СТОРМИ ОМАРТИАН ДУЎА ЕТКЕН ҲАЯЛДЫҢ КҮШИ # СϴЗ БАСЫ Сторми менен кɵп жыллық некемиз ҳаққында айтып отырып, мен айырым ўақытлары былай ҳǝзиллесемен: «Бул мен ушын 25 жыллық парасатлылық, ал ол ушын 25 жыллық хорлық болды». Бизлердиң 25 жыллық некелик ɵмиримизден кейин, Сторми ушын мениң қурамалы жекелигимнен ҳеш қандай сыр қалмады. Ол ҳǝммесин: мениң кɵтерилиўимди, қулаўымды, мениң гүресимди, қорқыныш ҳǝм үмитсизликлеримди кɵрди. Мениң ер, ǝке ҳǝм сазенде сыпатында қǝлиплескен жағдайыма гүманланыўына онда кɵп тийкарлар бар еди. Ол мениң Қудай мениң алдымда тик турмайды, — деп ɵкпелегенимди кɵрди. Ол Қудайдың күлден бир нǝрсени жаратып, оны алтынға айландырған кǝраматын да кɵрди. Бул жолдағы ҳǝр бир адым, оның дуўасы арқалы иске асып барды. Бул китап Стормидиң усы жыллар даўамында жыйналған тǝжирийбелери тийкарында жазылған. Мен ɵмиримди оның жубаныш ҳǝм қǝўипсизлик сезимин беретуғын, сондай-ақ Қудайдың бир-биреўимиз ушын дуўа етиў ҳаққындағы буйрығын орынлаўға жǝрдем беретуғын оның дуўаларысыз қандай болғанын кɵз алдыма келтире алмайман. Мен күйеўиме деген ҳақыйқый сүйиспеншиликти билиў — бул ол ушын бǝрҳама дуўа етиўден ибарат деп ойлайман ҳǝм буннан басқа жолды кɵз алдыма келтире алмайман. Бул қымбат баҳалы сый, оған Қудайдың жарылқаўының ҳǝм мийриминиң қуўанышын билиўге жǝрдем береди. Сторми, мен сени сүйемен. Сениң дуўаларыңның күшин ҳǝм мийримин билген күйеўиң, Майкл *Мен бул китапты дуўа етип сорағанымнан да анағурлым кɵбирек нǝрселерди берген ɵмирлик жолдасым Майклға сүйиспеншилик пенен арнайман. Бизлер екеўимиз де дуўа етиўдиң күшин түсинип жеттик.* # МИННЕТДАРШЫЛЫҚЛАР Мен мына адамларға айрықша рахметимди айтаман: •Бул китап үстинде жумыстың кɵбирек бɵлегин ɵзине алған мениң хаткерим ҳǝм жǝрдемшим С,юзан Мартинеске. Сениң сиңлилик сүйиспеншилигиң, дослық садықлығың, билимлигиң менен бай ҳǝм сақый дуўа етиўлериң, биргеликте ислеген жумсымызға ɵзиңди толық бағышлаўың мен ушын баҳасыз сый болды. •Мен сыяқлы күйеўи ушын Қудайға жылап дуўа етип, ɵзиңнен кешиў қандай қыйын екенин түсинген, мениң менен бирге дуўа еткен досларыма. Сизлер Қудайға исенип, садықлық пенен дуўа етпегениңизде, бул китап болмас еди. Мен сизлерди жүрегимде бǝрҳа қымбат баҳалы байлықтай сақлайман. •Қызым Менди ҳǝм улым Криске, арамыздағы қарым-қатнас идеал болмаса да, бизлерди, яғный ата-анаңызды сүйгениңиз ушын миннетдаршылық билдиремен. Мен Майкл менен бизлердиң машқалаларымыздың шешиминиң дуўа етиўде екенин билместен алдын, кɵз алдыңызда урысқанымыз ушын ɵкинемен. Бизлер үйренген барлық жақсы нǝрселерди сизлер жеке некелик қарым-қатнасыңызда қолланыўыңыз ушын дуўа етемен. •Ата-анасы аспанда болғанына қарамай, мени ɵзиниң анасындай қабыл алғаны ушын мениң тазадан болған балам Джон Дэйвид Кендрикке миннетдарман. Сен бизлер ушын ɵткен жыллар даўамында жетиспеген мүтǝжлигимиз едиң, бирақ сен ɵмиримизге кирместен алдын бизлер буны билмеген едик. •Пастор Джек ҳǝм Анна Хейфорд, пастор Дейл ҳǝм Джоан Эвристке, сизлер маған дуўа етиўди үйреткениңиз ҳǝм ҳақыйқый некениң сырын ашқаныңыз ушын миннетдарман. •Мениң Harvest House тағы барлық шаңарақ ағзаларыма: үлкен Боб Хокинске, кишкене Боб Хокинске, Билл Дженсенге, Джули Мак-Киннге, Тереза Эвенсонға, Бетти Флетчерге ҳǝм Лара Уэйкертке, бул китап жазыўда белсене қатнасқаныңыз ҳǝм басып шығарыўда қосқан үлесиңиз ушын, ҳǝммеңиз жүрегимниң қуўанышысыз, бирақ мен ушын айрықша қуўаныш баспаның басқарыўшысы — Кэролин Маккридиге. Сизлердиң жǝрдемиңиз ҳǝм қоллап — қуўатлағаныңыз ушын миннетдарман. •Мен тǝжирийбели кɵз-қарасын ҳǝм күшли ақылын қǝдирлеген, мениң баспашым Холли Хэлверсонға. •Том ҳǝм Пэтти Бруссоға, Майкл ҳǝм Терри Хэрритонға, Ян ҳǝм Дейв Уиллиамсонға, сондай-ақ, Дейв ҳǝм Присцилла Наварроға қатнасы ушын, ɵмирлик тǝжирийбесин бɵлискени ҳǝм ҳаялдың дуўасының күши неде екенин тǝжирийбеде кɵрсеткени ушын миннетдарман. *Парасатлы ҳаялды ким таба алады? Ондай ҳаялдың баҳасы гǝўҳардан да жоқары. Күйеўи оған жүректен исенеди ҳǝм ҳеш нǝрсеге мүтǝж болмайды. Ол күйеўине жаманлық емес, ал бир ɵмир жақсылық қылады. Сулайман. нақ. мақ. 31:10–12 # ДУЎАНЫҢ КҮШИ Алдын — ала мен ҳаялдың ɵз дуўасының күшине күйеўи үстинен қадағалаўды орнатыў усылындай қараў керек емеслиги ҳǝм ɵзиңди ɵтирик үмит пенен қызықтырмаўыңды айтқым келеди. Ҳақыйқатын айтқанда, ҳǝммеси керисинше. Дуўаның күши ɵзиңнен кешиў, ɵзиңниң күшиң ҳǝм имканиятыңа болған шағымларыңнан толығы менен Қудайдың сени, күйеўиңди, ɵмириңизди ҳǝм, ǝлбетте, некеңизди ɵзгерте алатуғын күшине толық исениўден ибарат. Бул күш қайсар ҳайўанды бойсындырыў (ямаса жылаўсыз) мақсетинде қамшы болыў ушын берилмейди. Бул күш-қайта тиклениўдиң жумсақ қуралы болып, ол тек ғана ҳақ болып қалмастан, соның менен бирге туўры ҳǝрекет ететуғын, алғанға қарағанда кɵбирек беретуғын ҳаялдың дуўасы арқалы жүз береди. Тек усындай жол менен ғана Қудайдан күйеўиңиздиң ɵмирине кирип жарылқаўын сораң, бул жарылқаў ақырында сизге де бериледи. Бизлер Майкл менен турмыс қурғанымызда ҳǝм арамызда урыслар пайда болғанда, мен дуўа ҳаққында кɵп ойламайтуғын едим. Мен онда ɵзимниң соңғы үмитимди кɵрдим. Мен түрли усылларды бастан ɵткердим: урыслар, тартыслар, жалыныў, қашыў ҳǝм белгили усыллардың бири болған үндемеў. Дуўа етиў арқалы усындай жағымсыз тǝсир етиў усылларысыз-ақ жасаўға болатуғынын түсиниў ушын маған ўақыт керек болады. Бүгин сен бул китапты оқып атырған ўақтыңда, бизлер Майкл менен 25 жылдан кɵбирек ўақыт некеде боламыз. Бул кǝраматтан басқа ҳеш нǝрсе емес ҳǝм бунда бизлердиң азғантай да болса мийнетимиз жоқ, булардың ҳǝммеси дуўаларымызға жуўап берген Қудайдың мийрими себепли болды. Кɵп жыллардан кейин де, мен буларды үйренип атырғанымды ҳǝм бул нǝрсениң жеңил емеслигин мойынлайман. Мен алдыңғыдай бүгин де қǝтелесермен, бирақ мен дуўаның ҳǝрекет етип атырғанын исенимли түрде айта аламан. Тилекке қарсы, мен балаларым ушын дуўа етип болмастан алдын, күйеўим ушын дурыс дуўа етиўди билмейтуғын едим. Мен балаларыма еткен дуўаларыма Қудайдан ǝҳмийетли ҳǝм терең жуўаплар алғанымда, күйеўим ушын да жалынлы дуўа етиўди мақул таптым. Бирақ, билсем, балалар ушын дуўа етиў жеңилирек екен. Олар туўылғанынан баслап бизлер оларға шын жүрегимиз бенен ең жақсы нǝрселерди тилеп, олардың ɵмиринде қатнасамыз. Бирақ, күйеўиңе келгенде бул нǝрселер аңсат кешпейди, ǝсиресе, некелик ɵмирдиң қыйыншылықларын кеширген болсаң. Күйеўиң сени ɵзиниң бийпарўалығы, итибарсызлығы менен қапа қылыўы мүмкин, ол қопал болып, ашыўыңызға тийиўи мүмкин. Ол жүрегиңе ийне сыяқлы киретуғын сɵзлерди айтыўы мүмкин ҳǝм сен ҳǝр сапары дуўа етип баслағаныңда бул ириңлесип атырған жараның қалай аўырғанын сезесиз. Жүрегиңиздеги бул «ийнеден» қутылмағаныңызша, Қудайға жүрегиңизди ылайықлы түрде аша алмайтуғыныңыз анық. Күйеўиң ушын дуўа етиў балаң ушын дуўа етиўдей емес, (олар бирдей болып кɵрингени менен) себеби сен күйеўиңниң анасы емессең. Бизлерге Қудайдан балаларымызды басқарыў бийлиги берилген, бирақ күйеўимизди басқарыў бийлиги берилмеген. Бирақ бизлерге душпанның пүткил күш-қүдиретин жеңиўге бийлик (Лука 10:19) берилген ҳǝм бизлер душпанымыздың жобаларына дуўамыз арқалы үлкен зыян келтире аламыз. Некедеги қарым-қатнаста пайда болатуғын кɵплеген машқалалар душпанның некени жоқ етиўдеги жобасының бир бɵлеги болып есапланады. Бирақ, бизлер былай айта аламыз: •Мен некемди бузыўға ҳеш нǝрсеге ҳǝм ҳеш кимге жол қоймайман. •Күйеўимди ҳақыйқатлық жолынан адастырып атырғанына қарап турмайман. •Бизлердиң ортамызда кɵринбес дийўалдың бой тиклеп атырғанына бийпǝрўа қарап турмайман. •Мен бир-биримизден узақласыў, бир-биримизди түсинбеў ямаса надурыс таңлаў татының бизлер бирге қурып атырған нǝрселерди басыўына жол қоймайман. •Бизлерди айырылысыўға ийтермелеп атырған кеширим бериў қǝлеўиниң жоқ екенлигин ҳǝм аўырыўларды тǝн алмайман. Бизлер некемизге қарсы болған ҳǝр қандай кери тǝсирлерге қарсы шыға аламыз ҳǝм Қудай Ɵзиниң аты ушын некемизди сақлаўға күш беретуғынына исенемиз. Сениң ɵзиңниң некеңниң ǝтирапына қорғаўшы дийўал қойыў ушын нǝрселери бар, себеби Ийса былай деген еди: «Сизлерге шынын айтып турман: сизлер жер бетинде нени байласаңыз, сол аспанда да байланады, жǝне де, сизлер жер бетинде нени шешсеңиз, сол аспанда да шешиледи» (Матта 18:18). Сенде Ийсаның аты менен жаўызлықты тоқтатыў ҳǝм жақсылыққа жол ашыў бийлиги бар. Ɵз дуўаларыңда сен Қудайға күйеўиңниң ҳақыйқый ɵмир кешириўине кесент ететуғын: мǝскүнемлик, жумысқа берилип кетиўшилик, ериншеклик, руўхы түсиўшилик (ямаса түскинлик), ǝззи минезлилик, адамлар менен шығысып кете алмаўшылық, бǝрҳама қǝўип сезиў, қорқыныш ямаса бǝрқулла ǝўметсизлик сыяқлы нǝрселер ҳаққында айтып, оның бул нǝрселерден қутылыўы ушын дуўа етсең болады. Оның булардан қутылыўы ушын дуўа етиў керек. ### ƟЗ НЕКЕҢДИ ƟЛИМГЕ ҲҮКИМ ЕТИЎГЕ АСЫҚПА... Мен күйеўимнен бɵлек жасаў, ҳǝтте, оның менен ажырасыў ҳаққында қашанлардур ойлағанымды ҳǝзир ашық мойынлай аламан. Бүгин бундай шешим мен ушын мақул емес, себеби мен бахытсыз некениң машқаласын шешиўге еки жол да туўры келмейди, деп ойлайман. Мен Қудайдың ажырасыў ҳаққындағы сɵзине исенемен. Бул жолдың Оған унамайтуғынын ҳǝм Оны қатты иренжитетуғынын билемен. Мен дүньядағы ҳǝмме нǝрседен бетер Қудайды иренжитким келмейди. Дурыс шешим қабыллаў уқыбын жоқ қылатуғын үмитсизлик сезими мен ушын жақсы таныс. Мен адамға дурыс ҳǝрекет ислеў ушын ҳǝр қандай урыныўлардан бас кештиртетуғын үмитсизлик басқышын кɵрдим. Мен жалғызлықтың сондай тереңликлерин билемен, онда сол тереңликте қалған жаныңыз ɵзине үңилип, сизди кɵриўши адамға талпынады. Мен қатты аўырыўды басымнан кеширдим ҳǝм сол себепли ɵлип қалыў қорқынышы, маған жасаў ушын жалғыз усылды ислеўге бул аўырыўдың тийкарынан қутылыўға мǝжбүрледи. Үмитсизлик тǝрепинен айтылған нǝрселерди ислеўдиң не екенин билемен, себеби сениң келешегиң жоқ. Мен күннен-күнге жаман сезимлерди басымнан ɵткердим ҳǝм тек ажырасыў ғана жеңиллик береди деп ойладым. Бизлердиң некемиздеги үлкен машқала — күйеўимниң қызба минези еди. Оның жалғыз нышанасы — мен ҳǝм балаларым еди. Оның сɵзлери мениң ишимдеги ҳǝмме нǝрсени музлататуғын еди. Мен гүнасыз болдым деп айта алмайман. Керисинше, «мен оннан кɵбирек айыплыман» — деп исенетуғын едим, бирақ ҳǝммесин қалай жɵнге салыўды билмейтуғын едим. Мен бǝрҳа Қудайдан күйеўимниң минезин жумсартыўын, оның мүлǝйим ҳǝм тыныш болыўы ушын сорайтуғын едим, бирақ ҳеш қандай ɵзгеристи кɵрмедим. Расында да, Қудай мени еситпегени ме? Менде: «Ол ҳаялға қарағанда күйеўди жақсы кɵрмей ме екен?» — деген гүманланыў пайда болды. Бир неше жыл даўам еткен усындай ɵмирден кейин мен Қудайға жылап: «Қудайым, артық мен бундай жасай алмайман. Ажырасыў ҳаққында сениң не айтқаныңды билемен, бирақ мен бул адам менен бир үйде жасай алмайман. Қудайым маған жǝрдем бер», — деп мурǝжат еттим. Мен, ҳǝтте, қолыма Мухаддес Китапты алып, саатлап отырдым ҳǝм балаларымды алып кетип қалыў тилеги менен қатты гүрестим. Мениң аўырыўдан шыққан ҳақыйқый ыңырсыўларымды еситип, Қудай маған ажырасқаннан кейинги ɵмиримди ашық-айдын кɵрсетти ҳǝм менде пайда болатуғын машқалалар, яғный, пул ислеп табыў ҳǝм балаларды бағыў, досларымнан қайсысы мениң менен бирге қалады ҳǝм ең қорқынышлысы — ажырасыў қызым ҳǝм баламның психикасына қалай тǝсир ететуғынлығы ҳаққында ойладым. Кɵз алдымдағы кɵринис қатты қорқынышлы еди. Егер мен кетсем, бǝлким, маған жеңил болар, бирақ бул маған қǝдирли болған нǝрселерди жойтыў есабынан болады. Қудай Майкл екеўимизге бундай жолды таярламағанын мен билетуғын едим. Мен сол жерде отырғанымда, Қудай маған мынаны ашып берди: егер мен ɵз ерким менен Оның тахтына ɵзимниң ɵмиримди қойсам, күйеўимнен кетиў пикиринен ўаз кешсем ҳǝм барлық мүтǝжликлеримди Оған исенип тапсырсам, ɵмиримди Майкл ушын дуўа етиўге бағышлаўды үйретеди. Ол маған күйеўим ушын Қудайдың баласы ушын сорағандай сораўым кереклигин кɵрсетеди ҳǝм сол ўақытта Ол мениң некемди тиклеп баратуғынын ҳǝм екеўимизге де жарылқаўын жаўдыратуғынын айтады. Егер бизлер буннан бɵлек - бɵлек емес, ал екеўимиз бирге усы машқалалардан ɵтсек, бизлер екеўимиздиң де аўҳалымыз жақсырақ болады. Қудай маған Майклдың ɵзгериўине кесент етип атырған оның ɵткен ɵмирине қатты байланғанын кɵрсетти. Егер мен разы болсам, Қудай мени азат етиў қуралы сыпатында қолланады. Разы болыў жүдǝ аўыр еди ҳǝм мен кɵп жыладым, бирақ мен разы болған ўақтымда, кɵп жылдан бери биринши мǝрте менде үмит пайда болды. Мен ҳǝр күни алдын ислемеген нǝрсени иследим, яғный Майкл ушын дуўа етип басладым. Бирақ ҳǝр сапары ɵзимниң гүналарым ушын жүректен тǝўбе етиўиме туўра келди. Мен ɵзимде қапашылық пенен ɵкпениң қаншелли терең кеткенлигин кɵрдим. Мен күйеўим ушын дуўа етким келмейди. Мен Қудайдан оны жарылқаўын сорай алмайман. Мен, Қудай оның жүрегин жылдырымдай тесиўин ҳǝм оның жаўызлығын ǝшкаралаўын қǝлеймен, — деп ойладым. Мен жǝне былай қайталадым: «Қудайым, мен күйеўимди кешире алмайтуғынымды мойынлайман. Маған кешириўди үйрет». Аз болса да, мен екеўимиздеги ɵзгеристи сезе басладым. Майкл ашыўланып бақырғанда, мен ǝдеттегидей ашыўланыўдың орнына, ол ушын дуўа еттим. Мен Қудайдан оның ғǝзебиниң себебин кɵрсетиўин сорадым ҳǝм буны Ол кɵрсетти. Мен жағдайды ɵзгертиў ушын не ислеўим керек екенин сорағанымда, Ол маған үйретти. Ашыўдың ушқынлары азайды ҳǝм даўам етиўи пǝсейди. Күнделикли дуўаның жǝрдеминде қандай да жақсы нǝрселер туўылатуғын еди. Бүгин бизлер минсизликтен еле узақтамыз, бирақ бизлер узақ жолды басып ɵттик. Бул жол аўыр еди, бирақ мен Қудайдың жолында жүриў ушын күш керек екенине исенемен, себеби бул некелик қатнасты басқарыўдағы жалғыз жол. Ҳаялдың күйеўи ушын дуўа етиўиниң күши, ҳǝттеки, анасының баласы ушын дуўа етиў күшине қарағанда кɵбирек (мени кешириң, апа). Əлбетте, анасының перзенти ушын сораған дуўасынан күшли ҳеш нǝрсе жоқ, бирақ үйленгеннен кейин еркек ата-анасын қалдырып, ɵз ҳаялына қосылады ҳǝм екеўи бир дене болады (Матта 19:5 — қа қараң). Енди олар руўхый бирликте қосылған бир топар. Күйеўи менен ҳаял бирлигиниң күши Қудайдың кɵз алдында некеден тысқары болған күштен жоқары. Буның себеби, ерли-зайыплылардың дуўасына күш берип, бириктиретуғын — Мухаддес Руўх. Соның ушын дуўа етпеў мүмкин емес, себеби картаға кɵп нǝрсе қойылған. Сиз денеңиздиң тек оң жағы ушын дуўа етиўди кɵз алдыңызға келтире аласыз ба? Егер бир бɵлеги қуўатлаў ҳǝм қорғаўдан бос қалған болса, ол жоқ болады, онда бул жағдай денениң екинши бɵлегине де тийисли. Буны сен ҳǝм сениң күйеўиңниң мысалында да кɵрсек болады. Егер сен ɵзиң ушын дуўа етип, бирақ ол ушын дуўа етпесең, онда сен қǝлеген нǝрсеңди ҳǝм руўхый пүтинликти ала алмайсаң. Оның менен жүз берген нǝрсе, сениң менен де жүз береди ҳǝм буннан қашып қутыла алмайсыз. Бизлердиң ерли-зайыплы болғандағы руўхый бирлигимиз бизлерди ҳǝлсиретиўге түрли усыллар ойлап табатуғын душпанларға жақпайтуғын күш береди. Ол бизлерди түрли усыллар менен жолдан урғысы келеди, мысалы: ɵзиңди пǝс баҳалаў, кɵкирек болыў, бǝрҳа биринши болыўға талпыныў, унамсыз танысыўлар ямаса жеке ҳǝлсизлигиңе берилиў. Ол саған ɵтирик айтып былай дейди: «Ҳеш нǝрсе ɵзгермейди», «Сениң қолыңнан ҳеш нǝрсе келмейди», «Жасаўға ҳеш қандай үмит жоқ», «Сен басқа адам менен бахытлы болыўың мүмкин». Сениң исениўиң ушын ол исендиретуғын болады, себеби ол сен исенсең некең бузылатуғынын биледи. Егер сен бул ɵтириктиң үлкен бɵлегине исенсең, сениң жүрегиң Қудайдың ҳақыйқатына қарсы тасқа айланады. Бузылған некениң қǝлеген бирин алып қарасақ, онда олардың кем дегенде бир тǝрепи Қудайға қарсы турады. Жүрегиңди қасарыстырып, сен жағдайды Қудайдың кɵзи менен кɵриў қǝбилетин жойтасаң. Бизлер некеде бахытсыз болсақ, оннан шығып кетиў ушын қǝлеген нǝрсеге асыламыз, бирақ кɵринисти толығы менен кɵре алмаймыз. Бизлер тек үстиртин турғанды қабыллаймыз, бирақ Қудайдың бизлерге деген ерки ҳǝм бул жағдайдағы бизлердиң орнымыз бизлер ушын жасырын қалады. Бирақ, бизлер дуўа еткенимизде жүреклеримиз Қудайға қарап жумсарады ҳǝм кɵзлеримиз ашылады. Бизлер үмитти кɵрип баслаймыз, себеби Қудай бизлердиң некемиздеги сынған ҳǝм жоқ болған нǝрсени тиклеўге жǝрдем беретуғынына исенемиз. Ол былай дейди: «Саған қурт-қумырысқалар ҳǝм гүбелек қуртлар жеген жылларыңды беремен» (Иоел 2:25). Бизлер Оған исенип, Оннан бизлерди аўырыў ҳǝм толық исенимсизлик сезиминен қутқарыўды, жүрегимизди жаўызлықтан емлеўди ҳǝм бизлерге кешириўди үйретиўди сораўымыз мүмкин. Бизлер күлден сүйиспеншилик келтирип шығара алатуғын Қудайдың күшине исениўимиз мүмкин. Ийсаны атанақ ағашқа шегелегеннен үш күн ɵткен соң, Магдалалы Мариямның Оның қǝбирине барғанда, Оның ɵли емес, ал Қудайдың күши менен қайта тирилгенин кɵргени есиңизде ме? Сол ўақытта оның жүреги қандай қуўанышқа толған еди? Ɵлиниң тирилгенин кɵргенде руўхыңды толтыратуғын қуўаныштан күшлирек не болыўы мүмкин! Ийсаны тирилткен күш бүгин сизиң некеңизди тирилтиўи ҳǝм оны жаңа ɵмирге толтырыўы мүмкин. «Қудай Ийемизди ɵлимнен қайта тирилтти. Сол сыяқлы, Ол бизлердиң денемизди де Ɵз қүдирети менен тирилтеди» (Коринф. 1-х 6:14). Буны ислейтуғын басқа күш жоқ. Бирақ бул тек Қудайға жүрегиң толық талпынғанда, сүйиспеншиликтиң тирилиўин күтиўдеги аўыр жолды ɵтиўге сɵзсиз таяр болғаныңда ғана жүз бериўи мүмкин, себеби қуўанышқа жол қайғы арқалы ɵтеди. Сен некеңниң тǝғдирин ɵзиң шешиўиң керек ҳǝм оның тиклениўи ушын зǝрүр болған ҳǝмме нǝрсени ислейтуғыныңа таяр екенлигиңди айтыўың керек. Сен аўырыў, бийпǝрўалық ҳǝм ɵзин ойлаў менен жоқ болған некеңниң тиклениўи мүмкин екенине ҳǝм сени ɵзине тартқан қǝлеген машқала — зорлық, балаңыздың ɵлими, некеге садықсызлық, жарлылық, жақын адамыңды жойтыў, қатты аўырыў ямаса бахытсыз ҳǝдийселер ɵзиниң ɵлтириўши зǝҳǝринен айрылыўы мүмкинлигине исениўиң керек. Сен күйеўиң менен сени ажыратып турған түрли тосқынлықлар, яғный, мǝскүнемлик, наркотиклер ямаса жаман кейпиятлар жоқ болыўы мүмкин екенине де исениўиң керек. Күйеўиң менен қатнасыңның арасына қандай апатлар ǝсте кирмесин, ɵмириңизде қандай бутлар (карьера, ǝрманлар, балалар ямаса ɵзин ойлаў сезимлери) пайда болмасын, бил, буның ҳǝммеси жоқ болыўы мүмкин. Исен, сениң ɵмириңде буны ҳǝм буннан басқа да кɵп нǝрселерди ислеўге Қудайдың күши жетеди. Егер бир күни азанда уйқыдан турып, қасыңда жатырған күйеўиң сен ушын жат адамға айналғанын түсинсең, сен руўхый байланысыңыздың барлық жибин үзип атырған үнсиз жек кɵриўди сезсең, сен сүйиспеншилик ҳǝм үмиттиң аз-аздан жоқ болып атырғанын кɵрсең, күннен-күнге тек ғана қайғы беретуғын қарым — қатнасыңыз аўырыў ҳǝм азапқа толы болса, ҳǝр бир айтылған сɵз ортаңызға үлкен тосық қойса, онда бул Қудайдың ерки емеслигине исен. Қудай ортаңыздағы барлық тосықларды алып таслағысы ҳǝм некеңизди тиклеўди қǝлейди. Ол жараны емлеп, жүрегиңе сүйиспеншилик бере алады. Буны Оннан басқа ҳеш нǝрсе ҳǝм ҳеш ким ислей алмайды. Бирақ сен орныңнан турып, былай деп айтыўың керек: «Қудайым, мен бул тартыстың жуўмақланыўын ҳǝм күйеўим менен ортамыздағы қыйратыўшы дийўалды жоқ қылыўыңды соранаман. Бизлер қорғаныў ушын пайдаланыўға ҳǝрекет етип атырған аўырыў ҳǝм жек кɵриўшиликтен бизлерди қутқарагɵр! Бизлерге кешириўди үйрет. Сениң сүйиспеншилик ҳǝм тынышлығың болыўы ушын бизлердиң аўзымыз бенен сɵйле. Бул дийўалды буз ҳǝм бизге Сениң жолыңда жүриўди үйрет. Ɵли ҳалдан қалай кɵтерилиўди ҳǝм бизлер ушын таярланып қойылған Сениң шыпаңды ҳǝм қайта ояныўды алыўымызды кɵрсет». Некеңди ҳǝлсиз деп жǝриялаўға ҳǝм Қудайдан басқа күйеўди сораўға асықпа. Ол сениң ҳǝзирги күйеўиңнен Масихта жаңа жаратылыс ислей алады. Ер ҳǝм ҳаяллар урысыў, бир-бирине жат болыў, ɵли некеде ямаса бɵлек жасаў, қорлаўға шыдаў ҳǝм ажырасыў ушын жаратылмаған. Қудайдың күши бизиң тǝрепимизде. Бизлер некемизди тǝғдир ҳүкимине бере алмаймыз. Бизлер ол ушын гүресиўимиз керек, себеби бизлерде үмит бар. Егер Қудай қасыңда болса, онда ɵмириңде күлден тириле алмайтуғындай ҳеш нǝрсе жоқ. Ҳǝттеки, сизиң жеке сезимиңиз де. ### АЛ МЕН НЕ? МЕН ДЕ ДУЎАҒА МҮТƎЖБЕН-ҒО Сен күйеўиң ушын дуўа ете отырып, ол да мениң ушын мен сыяқлы дуўа ете ме, — деп ойлаўыңыз тǝбийий. Бул саған қандай ǝжайып болып кɵринсе де, буған берилип кетпе. Күйеўиң ушын дуўа етиў, бул сен тǝрептен қурбанлық ҳǝм шексиз сүйиспеншилигиңди кɵрсетиў дегени. Ол сениң ушын сен дуўа еткендей қылып ҳеш қашан дуўа етпеўин биле тура, сен бул арнаўды қабыл етиўге таяр болыўың керек. Бǝлким, ол сен ушын ҳеш дуўа етпес. Сен оннан ɵзиң ушын дуўа етиўин сорап, буның ушын сораныўың мүмкин, бирақ сен күйеўиңнен буны талап ете алмайсаң. Бирақ, бул сениң жумысың емес, ал Қудайдики. Солай екен, оны бул жуўапкершиликтен азат ет. Егер ол сен ушын дуўа етпесе, бул сениң емес, ал оның жоғалтыўы болады. Сениң ǝўметиң оның дуўасынан ғǝрезли емес, бул сениң Қудай менен қатнасыңа байланыслы. Дурыс, ҳаяллар да дуўаға мүтǝж. Бирақ күйеўимизге дуўа етиўдеги жǝрдемши сыпатында сүйениўимиз, ɵзимизди бос үмит пенен алдаўымызды аңлатады. Мен некемди сақлап қалыўдың ең жақсы жолы — бул мен ҳǝр ҳǝптеде биргеликте дуўа еткен басқа ҳаяллардың дуўа етип қоллап-қуўатлаўы екенилигин түсиндим. Сизлерди исендирип айта аламан, бул нǝрсе қǝлеген некеге пайдалы тǝсирин тийгизеди. Егер сен жүрегиңдеги сырды ашып, ɵзиң исенетуғын еки ямаса оннан да кɵп ҳақыйқый исениўши ҳаялды таба алсаң, дуўа етиў ушын күнделикли ўақытты белгиле. Бул сениң ɵмириңди ɵзгертеди. Бул сизиң ҳǝммеге күйеўиңниң жеке ɵмиринде болып атырған нǝрселерди майда-шүйдесине дейин айтып бериўиңиз керек — дегени емес. Яқ, сениң жумысың — Қудайдан жүрегиңди ɵзгертиўин ҳǝм жақсы ҳаял болыўды үйретиўин сораў ҳǝм ким менен болса да, қайғыларың менен бɵлисип, Қудайдан күйеўиңди жарылқаўын сораўдан ибарат. Егер сениң машқалаң жүдǝ аўыр болса ҳǝм сен дуўа етиўдеги досларыңа исенсең, онда ойланбастан олар менен қайғыңды бɵлис. Мен кɵплеген некелердиң адамлардың биреўге дуўа етиў ушын машқалаларын айтыўға кɵкиреклиги ямаса қорқынышы кесент еткенлиги себепли қулағанын кɵрдим. Олар сырттан ɵзлерин жақсы кɵрсетеди ҳǝм бир күни ҳǝммеси қулайды. Бул жерде сениң дуўа етиўдеги досларыңа исенип айтып атырған машқалаңның ҳеш кимге жайылып кетпеў жағын да ойла, ɵзиңниң екилениўшилигиң ҳǝм гүманларың себепли некеңди тасламаўың керек. Егер сениң дуўа етиўдеги жолдасың сыр сақлап билмесе, дана, руўхый ɵскен, жǝрдем бериўге таяр биреўди табың, усыннан баслап ɵзгерислердиң басланыўы жүз береди. Сырттағы адамлардың ямаса күйеўиңиздиң қоллап-қуўатлаўы болмаса да, ɵзиңиздиң шын жүрегиңизден шыққан дуўаңыз нǝтийжесин береди. Дуўаңа жуўап алмастан алдын саған дуўа еткениң ушын Қудайдан жарылқаў келеди, себеби сен Қудай менен биргесең, ал ɵзгерислер усы жерден басланады. ### ДУЎА ЕТИЎДИ БАСЛАЎҒА АСЫҚПА Күйеўиң ушын дуўа етиўдиң түрли жолларын излеўге түспе. Буны бир күнде, бир ҳǝптеде ямаса бир айда ислеў мүмкин емес. Бул китапта берилген мǝслǝҳǝтлердиң саған жол кɵрсетиўши болыўына рухсат ет, кейин Мухаддес Руўх айтқанындай дуўа ет. Айрықша қыйын жағдайларда дуўаның нǝтийжесин асыра алатуғын ораза тутыў жǝрдем бериўи мүмкин. Мухаддес Жазыўларға тийкарланған дуўалар үлкен күшке ийе. Ҳǝр бир баптан кейин сиз Мухаддес Китаптан алынған керекли цитаталарды табыўыңыз мүмкин. Ең баслысы-шыдамсызлыққа жол қоймаў. Cениң некеңе жеткизилген зыян қанша күшли болса, ол ушын еткен дуўаларыңа жуўап алыўға сонша узақ ўақыт кетеди. Қудайдан шыпа табыўға шыдамлы ҳǝм турақлы бол. Ядыңда тут, сен де, күйеўиң де минсиз емессизлер. Жалғыз Қудай минсиз. Қудайға некеңниң мүтǝжликлерин толтырыўшыға қарағандай етип қара, қалай шыпа табыўыңызды ойлап басыңды қатырма. Сениң ўазыйпаң - тек дуўа етиў: дуўаларыңа жуўапты Қудай береди. Ҳǝмме нǝрсени Оның қолларына тапсыр. # 1-БАП ## СЕН ТУРМЫСҚА ШЫҚТЫҢ Күйеўи ушын дуўа ететуғын ҳаялдың, дуўа етиўге ўақыт ажыратқанына қарағанда, пǝк жүрекке ийе болғаны ǝҳмийетлирек. Егер сен дуўаңның жақсы жемис бериўин қǝлесең, жүрегиң Қудайдың алдында пǝк болыўы шǝрт. Соның ушын күйеў ушын дуўа етиў, оның ҳаялы ушын дуўа етиўден басланыўы керек. Егер сени ашыў, гүманлы ойлар басса, сен күйеўиңди кешире алмайсаң. Егер буның ҳǝммесиниң себеплери болса да, дуўаңның жуўабын күтиў сиз ушын жүдǝ аўыр болады. Бирақ егер сен Қудайдың алдында барлық гүнаңды шын жүректен мойынлап ҳǝм дуўа етиўди даўам етсең, сен некеңниң түптен ɵзгерип атырғанын кɵресең. Айырым ўақытлары ҳаялдың ɵзи дуўасына қарсылық етеди, себеби олардың жүреклеринде тǝртип жоқ. Буны түсиниў ушын маған ўақыт керек болады. ### МЕНИҢ ҮШ СƟЗДЕН ИБАРАТ БОЛҒАН ЖАҚСЫ КƟРЕТУҒЫН ДУЎАМ Мен некелик ɵмирим басланыўынан - ақ күйеўим ушын бǝрқулла дуўа етпегениме қатты ɵкинемен. Дуўа еткенимде де бул мениң усы китапта мǝслǝҳǝт еткенимдей емес еди. Аўа, мен дуўа еттим. Мениң дуўаларым тɵмендегише қысқа еди: «Қудайым оны қорға». Олар жүдǝ анық еди: «Бизлердиң некемизди сақла», бирақ мен, кɵбинесе, ɵзим жақсы кɵрген мына үш сɵзди айтып дуўа ететуғын едим: «Қудайым оны ɵзгерт». Бизлер турмыс қурған ўақтымызда, мен ески гүналарымның жолларынан қутқарылған ҳǝм Қудайдың еркин ҳǝм қүдиретли күшин билмейтуғын, яғный, исенимге жаңа келген едим. Мен минсизликке жақын адамға турмысқа шықтым, оның сулыўлығы мениң кɵз алдымда қандай да бир кемшиликлерин толықтырады деп ойлайтуғын едим. Ўақыттың ɵтиўи менен мениң сулыў дегеним кеўлиме тийе баслады, ал минсизлик кɵриниси ǝдеттеги ǝрман болып шықты. Мен Майклдағы кеўлиме тийетуғын нǝрселер жоқ болыўдан, ҳǝмме нǝрсе дǝрриў ɵзгереди деген пикирге келдим. Мына нǝрселерди түсиниў ушын маған бир неше жыллар керек болды: күйеўим мениң ушын идеал болған еркекке тең келиўге урынбақшы емес. Оны ɵзгертиў қолымнан келмейтуғынын түсиниўим ушын маған жǝне бир неше жыл керек болды. Ɵзимниң қǝўетерлерим менен Қудайға мүрǝжат етип баслағанда, бир нǝрсени түсине басладым. Бирақ, барлығы мен ойлағанымдай болмады. Билсем, Қудайдың бирге екенин алдын мен сезген екенмен ҳǝм мен ɵзгере басладым. Қудай күйеўимди ɵзгертпестен алдын дǝслеп, мениң жүрегим жумсарып, бойсынып, ɵзгериўи керек еди. Мен болып атырған нǝрсени адамдай емес, ал Қудай оны қалай кɵрсе, солай кɵрип үйрениўим керек еди. Əсте - ақырын мен, ɵзимниң руўхымды изертлеместен алдын, күйеўим ушын шын жүректен дуўа ете алмайтуғынымды түсиндим. Егер мениң жүрегим қайғыға, кɵнликпеўшиликке толы болса, мен Қудайдың алдына келип, дуўаларыма жуўап ала алмас едим. Мен ɵзимниң жақсы кɵретуғын үш сɵзден ибарат болған дуўамды айта алмас едим, себеби Қудай меннен басқа үш сɵзден ибарат: «Қудайым, мени ɵзгерт» деген дуўаны күткенин билер едим. ### КИМ ƟЗГЕРИЎ КЕРЕК? ...МЕН БЕ?! Сен күйеўиң ушын дуўа еткениңде, ǝсиресе, оның ɵзгериўине үмитленгениңде, сен оның ɵзгериўин күтетуғының тǝбийий, бирақ мен оның биринши ɵзгере баслайтуғынын күтпеў кереклигин түсиниўиңди қǝлеймен. Бул жерде сен биринши болыўыңа туўра келеди. Егер менде болғаны сыяқлы, сениң де ишиңде ашыў қызып басласа, сен: «Мен ɵзгериўге мүтǝж емеспен-ғо», — деп айтыўың мүмкин. Бирақ, бизлер кɵрмеген нǝрсени Қудай кɵреди. Ол бизлердиң неге мүтǝж екенимизди биледи. Оған Ɵзиниң еркине қарсы келетуғын нǝрсени бизлерде табыўына ўақыт та керек емес. Ол бизлердиң жүрегимизде гүна ислегенимизди қǝлемейди, себеби гүна бизлерди Оннан айырады ҳǝм бизлер дуўамызға жуўап ала алмаймыз. Бул ҳаққында: «Егер жүрегимде қарсылық болса, Қудайым мени тыңламас еди» (Забур 65:18), — делинген. Дуўамызға Оның жуўабын анық түсиниўимиз ушын Қудай бизлердиң жүреклеримизди таза ҳǝм ғǝзепке толмаған ҳалда кɵргиси келеди. Егер күйеўиң саған бақырып, сени сыйламайтуғын болса, сениң сɵзлериңе жуўап қайтармайтуғын, саған опасызлық етип, ямаса сени уратуғын болса, онда бул талапты орынлаў жеңил емес. Бирақ Қудай кек сақлаў, ашыў, жек кɵриў, ɵзин аяў, ɵш алыўдың, басқа гүналардан ҳеш кем жери жоқ екенин айтады. Сол гүналарың ушын тǝўбе ет ҳǝм Қудайдан сени Ɵзине унамайтуғын барлық нǝрседен босатыўын соран. Сениң күйеўиңе бериўиң мүмкин болған үлкен сыйың-бул сениң ишки пүтинлигиң. Оны ɵзгертиўдиң ең жақсы усылы, жеке ɵзиңниң ɵзгериўиң болыўы мүмкин. Қǝўетерленбе, алдын мен де буны найзадай қабыллаған едим. Ҳǝр сапары, Қудай менен мениң қарым-қатнасымызда басы берик кɵшеге кирип қалғанымызда, екеўимиздиң ортамызда тɵмендегидей гǝп болған еди: — Қудайым, мениң күйеўим қандай екенин кɵрип турсаң ба? — Ал, сен ɵзиңниң қандай екениңди кɵрдиң бе? — Əке, Сен мениң бир нǝрседе ɵзгериўим керек екенин айта жақсаң ба? — Кɵп нǝрседе. Сен неде ɵзгериўиң керек екенин еситкиң келе ме? — Аўа еситким келеди. — Буған таяр болғаныңда маған айт. — Бирақ, неге мен, Қудайым? Ɵзгериўге күйеўим мүтǝж-ғо. — Баслысы кимниң ɵзгериўге мүтǝж екенинде емес. Ал, ким ɵзгериўди қǝлейди. — Бирақ, Қудайым, бул ǝдилсизлик. — Мен ҳеш қашан ɵмирди ǝдил деп айтпадым; Мен Ɵзимди ǝдил деп айтқан едим. — Бирақ, мен… — Ким болса да биринши болыўды қǝлеўи керек-ғо. — Бирақ… — Саған некеңди сақлап қалыўдың ǝҳмийети қандай? — Жүдǝ ǝҳмийетли. Басқа вариантлар маған туўры келмейди. — Жақсы. Онда кел сеннен баслайық. — Қудайым, бул пикирге қосылыўыма жǝрдем берегɵр. — Буны сен шешиўиң керек. — Ол мен ушын дуўа етпесе де, мен күйеўим ушын дуўа етейин бе? — Əлбетте. — Бирақ, бул… Яқшы, яқшы, мениң есимде: ɵмир ǝдалатсыз, ал Сен ǝдилсең! (Аспаннан үнсиз мақуллаў). — Мен саған бойсынаман. Иске кирис. Бул қандай аўыр болады. Ɵзгерт ɵзгерт… Буны растан да мен айтып атырман ба? (Терең дем алыў). — Қудайым, мени ɵзгерт. Жанға бата ма? Аўа! Ɵзиңниң ɵзгериўиң керек екенин мойынлаў бǝрҳа аўыр болады. Əсиресе, егер сен басқа адам ɵзгериўи керек екенине исенимли болсаң. Бирақ, сен бул аўырыўдан кейин жаңа ɵмирге келесең. Басқа жолды таңлағаның менен де, оның аўырыўы буның аўырыўынан кем болмас еди, ал оның жемиси бǝрҳама үмиттиң, қарым-қатнастың, неке ҳǝм шаңарақтың ɵлими болып табылады. Қудай ең ɵли некени де тирилте алады, бирақ бул деген сɵз, сен Оның нызамлары-кешириў, мийримлилик, сүйиспеншилик нызамлары бойынша жасаўға кɵндириўге турарлық. Бул ɵткен ɵмириңниң аўырыўы менен хошласыў дегенди билдиреди: бул уллы урыста жеңимпаз болыў ушын тартыста утылыўды билдиреди. Мен ɵзиңниң қǝдириңди, сезимлериңди, ойыңды умытып ҳǝм күйеўиңниң бақырыўларына үндемей шыдаў керек деп айтпақшы емеспен. Қудай сеннен буны талап етпейди (егер сен дене ямаса руўхый азапланыўға ушырасаң, тез де үйиңнен басқа қǝўипсиз жерге кет ҳǝм жǝрдем сора). Күйеўиң психологтың кеңесин алып жүргенде, сен оның ушын дуўа ет. Қулақ асыў-бул сениң жүрегиңнен ɵз ерки менен шығатуғын нǝрсе. Ийса былай дейди: «Ɵз жанын сақлап жүрген адам оны жоғалтады, ал жанын Мен ушын жоғалтқан адам оны сақлап қалады» (Матта 10:39). Сен ɵз ɵмириңди жүрегиңниң ерки менен қурбанлық ет, себеби буны сеннен талап етиў мүмкин емес. Сениң Қудай менен қатнасың қандай болыўы керек? Ол тек мынадай болыўы керек: «Əкежаным, Сениң қǝлегениңдей болсын. Маған буны үйрет». Бул сениң алдыңғы ɵзиңнен кешиўге таяр екениңди ҳǝм сен: «Қудайым, мени ɵзгерт», — деп айта алатуғыныңды аңлатады. ### СҮЙИСПЕНШИЛИКТИҢ МУХАДДЕС ТИЛИ Бизлер басқа адам ушын дуўа еткенимизде, жүреклеримизде қандай да бир нǝрсе жүз береди ҳǝм ашыўланыў жоқ бола баслайды. Бизлер аўырыўды жеңиўге ҳǝм кешириўге үйренемиз; ақырында бизлер дуўа етип атырған адамымызды сүйе баслаймыз. Бул ҳақыйқый кǝрамат! Бул кǝрамат бизлер Қудайдың бар екенин дуўамызда сезгенлигимиз ҳǝм Ол бизлерди сүйиспеншилик Руўхына толтырғанлығы себепли болады. Сен күйеўиң ушын дуўа еткениңде, жүрегиңде оған деген Қудайдың сүйиспеншилиги артады. Тек бул емес, сен оның да жүрегинде саған деген сүйиспеншиликтиң артқанын кɵресең, ҳǝттеки, ол сениң ɵзи ушын дуўа етип атырғаныңды билмейди. Бул сүйиспеншиликтиң уллы тили — дуўа етиў болғаны ушын жүз береди. Бул бизлерге түсиниксиз. Мен жүреклеринде күйеўине деген бир тамшы болса да сүйиспеншилиги жоқ болған ҳǝм дуўа етиў барысында ўақыттың ɵтиўи менен бул сезимди ɵзлеринде тапқан ҳаялларды кɵрдим. Айырым ўақытлары олар, ҳǝтте, биринши жүректен ислеген дуўасынан кейин ɵзлеринде ɵзгеристи сезер еди. Күйеўиң ҳаққында Қудайға айтыў — бул сүйиспеншилик ҳǝрекетин ислеў болып табылады. Дуўа етиў сүйиспеншиликти оятады; сүйиспеншилик жǝне де дуўа етиўге шақырады, нǝтийжеде сүйиспеншилик күшейеди. Егер дуўаңыз шын жүректен шықпаса, онда ўақыттың ɵтиўи менен дуўа етиў барысында шын жүректен шығатуғын болады. Сен күйеўиң менен қатнасыңда сабырлырақ болып атырғаныңды кɵресең, алдыңғы урыс-қағысларға сылтаўларыңыз жоқ бола баслайды ҳǝм урысты шетлеп ɵтип, оны тынышлық жолы менен шешиўге үйренесиз. Сен араңыздағы оянып атырған бирликтиң белгилерин кɵресең. Бизлердиң руўхый қатнасымыз үзилген ўақытта, бизлерде ҳǝмме нǝрсе бузылады. Ийса былай дейди: «Ал Ийса олардың ойларын билип, былай деди: — Ɵз ара қарсы болып бɵлинген ҳǝр бир патшалық жоқ болады, ɵз ара қарсы болып бɵлинген ҳǝр бир қала ямаса үй қулайды» (Матта 12:25 — қа қараң). Сизлер күйеўиңиз бенен бирге дуўа етпесеңиз де, дуўа сизлерди бирлестиреди. Мен дуўаның нǝтийжесинде күйеўим менен қатнасымыздағы күшли басымның жоқ болғанын кɵрдим. Күйеўиңнен ǝпиўайы: «Сен ушын қалай дуўа етейин?» деп сораўдың ɵзи музды ерите алады ҳǝм қатнасыңызға сүйиспеншилик пенен исенимди бере алады. Əдетте, күйеўим бул сораўды еситкенде тоқтап турып, маған анық жуўап беретуғын еди. Ал, басқа жағдайларда болса, мен оннан бир сɵз де есите алмайтуғын едим. Исениўши емес күйеўлердиң де бул сораўды ҳаялларынан еситкенинде, оған жуўап бергени маған мǝлим. Бизлер күйеў ҳǝм ҳаял болып, ɵмирде ҳǝр түрли жоллардан кете алмаймыз, себеби бизлер бир пүтинбиз. Бизлер ɵмиримиздиң ақырына дейин бирге болыўды ҳǝм терең сүйиспеншиликти қǝлеймиз. Буны бизге тек ғана дуўа бере алады, себеби ол сүйиспеншиликтиң мухаддес тили менен сɵйлей алады. ### МЕН ОНЫ ЖЕК КƟРЕМЕН. МЕН ОЛ УШЫН ҚАЛАЙ ДУЎА ЕТЕМЕН? Сениң қашан болса да, күйеўиң ушын дуўа етиўди ойлағанның ɵзинде, сенде қарсылық туўдыратуғындай дǝрежеде күйеўиңе қатты ғǝзепленген ўақтың болды ма? Менде болды. Сен ашыў ҳǝм ғǝзепке толы болсаң, басқа адамға дуўа етиў қатты қыйын болады екен. Бирақ Қудай бизлерден тап соны күтеди. Егер ол бизлерге душпанымыз ушын дуўа етиўди буйырса, онда Қудайдың сɵзи бойынша бир пүтинди қурайтуғын ҳǝм сен сүйген адам ушын дуўа етиўге қандай күш керек? Бирақ мин тағыўдан қутылыўды ҳǝм кешириўди қалай үйрениў мүмкин? Биринши ислейтуғын нǝрсе-бул Қудайдың алдында ҳақ болыў. Бизлердиң қатнасымызға кесент ететуғын кешире алмаслықты жоқ қылыў ушын бизлер Қудайға сезимлеримизди шын жүректен ашыўымыз керек. Бизлер Оның ушын ҳеш нǝрсени безеп кɵрсетпеўимиз керек, себеби Ол барлық ҳақыйқатты биледи. Ол тек бизлердиң Ɵзиниң шǝртин қабыллағанымызды, Оған тǝўбе етиўге таяр екенимизди ҳǝм ɵзимиздиң тыңламағанлығымызды тǝн алғанымызды кɵриўди қǝлейди. Тек усындай жағдайда ғана Қудай бизлерге тǝсир ете алады. Егер сизлер күйеўиңизге ашыўлансаңыз, буны Қудайға айтың. Бул аўырыўдың рак кеселлигиндеги исиктиң үлкейгени сыяқлы күннен — күнге ɵсиўине жол қоймаң. «Мен ɵз ɵмирим менен жасаўды қǝлеймен, ал ол ɵз ɵмири менен жасасын», — деп айтпаң. Бир-биримизден ғǝрезсиз болыўымыз ушын бизлер қун тɵлеўимиз керек. «Деген менен, Ийемизге тийисли адамлардың ɵмиринде, ҳаял ер адамнан, ер адам ҳаялдан ғǝрезли» (Коринф. 1-х 11:11). Буның орнына: «Қудайым, мен бул адам ушын дуўа етиўди қǝлемеймен. Мен ɵзимниң ашыўымды, аўырыў сезимин, күйеўимнен кеўлим қалғаны ушын кек сақлағанымды, жүрегим оны жек кɵргенин ҳǝм оған қарсы ғǝзепленгенин мойныма аламан. Мени кешир ҳǝм менде пǝк жүректи ҳǝм Сениң алдыңда ҳақ руўхты жарат. Оған жаңадан қатнаста болыўға мени үйрет. Маған оған мүрǝжат ететуғындай қуўанышлы, сүйиспеншиликли ҳǝм кеширимли жүрек бер. Оған ɵзиниң қǝтелерин ашып бер ҳǝм буны жүректен қабыл етиўине жǝрдем бер. Оны тǝўбе етиў ҳǝм азат болыў соқпағынан алып ɵт. Мениң кеширимли болыўды билмейтуғынымның себебинен келип шыққан күйеўиме деген руўхый ҳǝм денедеги жек кɵриўшилик пенен гүресиўимде жǝрдем бер. Бизлерди бир-биримизден кеширим сораўға үйрет. Егер мениң кɵзлеримде бир нǝрсе жасырынған болса, онда оны маған ашып бер ҳǝм оны қабыл етиўиме жǝрдем бер. Бизлердиң қарым-қатнасымызға кесент ететуғын шатаслықларды ҳǝм түсинбеўшиликти алып тасла. Егер биреўимиздиң қылықларымызды ɵзгертиў керек болса, буны қалай ислеў кереклигин Сен үйретесең деп үмитленемен. Бир тǝрептен мен, ɵзимниң ашыўымның артына жасырынаман, себеби оны ǝдил деп ойлайман, ал екинши тǝрептен болса, мен, Əкежан, Саған унайтуғын нǝрсени ислегим келеди. Мен барлық сезимлеримди Саған ашаман. Мениң күйеўиме деген сүйиспеншилигимди тирилт. Маған жағдайды ɵзгертиўге жǝрдем беретуғын сɵзлерди табыўға жǝрдем бер». Егер сен ɵзиңде күш сезсең, кишкене тǝжирийбе ɵткерип кɵр ҳǝм нǝтийжени күт. Бир ай даўамында күйеўиң ушын күнде дуўа ет. Бул китаптағы ҳǝр бир баптың ақырында жайласқан дуўалардан биреўин оқы. Ҳǝр күни бир баптан ал. Қудайдан күйеўиңе жарылқаў бериўин ҳǝм екеўиңизди Ɵзиниң сүйиспеншилиги менен толтырыўын соран. Күйеўиңе жүрегиңниң жибигенин ҳǝм күйеўиңниң саған болған қатнасының ɵзгериўин бақлап бар. Кɵр, қарым-қатнасыңыз ɵз орнына түсип атыр ма? кɵриң. Егер бундай дуўа етиў саған қыйын болса, жағдайға Қудайдың кɵз-қарасы менен қара. Күйеўиңе Қудайдың кɵзи менен қара, оған ɵзиңниң күйеўиңе емес, ал Қудайдың сүйген баласына қарағандай қара. Бул саған үлкен ашылыс болыўы мүмкин. Егер биреў сеннен баласы ушын дуўа етиўиңди сораса, сен яқ демейсең, дурыс емес пе? Демек, ҳǝзир буны Қудай сеннен сорап атыр. ### «ҮНДЕМЕ ҲƎМ ДУЎА ЕТ» «Ҳǝмме нǝрсениң ɵз ўақты бар», — деп айтылған Мухаддес Китапта. Бул сɵзлер тиккелей некедеги қарым-қатнасқа тийисли. Сɵйлеўдиң ҳǝм үндемеўдиң ɵз ўақты бар ҳǝм бул еки түсиниктиң айырмашылығын билетуғын ҳаялы бар еркек бахытлы. Некелик ɵмирдиң азғантай болса да, тǝжирийбесине ийе болған адам, үндемеўди талап ететуғын нǝрселердиң бар екенин биледи. Ерли-зайыплыларда бир-бирин ɵкпелетип, бир-бириниң кеўлине тийетуғын жағдайлар кɵп болады. Қанша кеширим сорағанына қарамастан, айтылған сɵзлерди қайтарып алыў мүмкин емес. Оларды тек кешириў керек, бирақ буны ислеў бǝрҳа аңсат емес. Айырым ўақытлары сɵзлер Қудайдың еркиниң орынланыўына кесент етиўи мүмкин, соның ушын айырым ўақытлары үндемеў ҳǝм дуўа етиў жақсырақ болады. Бизлер Майкл менен турмыс қурған ўақтымызда, мен онша сɵйлемейтуғын едим ҳǝм арамызда келиспеўшилик болғанда үндемейтуғын едим. Мен сезимлеримди кɵрсетиўге асықпайтуғын едим. Биринши балам туўылғаннан кейин мениң даўысым қаттырақ шыға баслады. Бирақ, мен пикир ҳǝм шағымларымды қанша бǝлент «айтсам», күйеўим тǝрепинен қарсылық сонша дǝрежеде күшейип, бизлер жийи урысатуғын болдық. Мениң сɵзлерим қǝлегенимдей ɵзгерислерди алып келмеди, ал керисинше, ол кɵбинесе пүткиллей басқа нǝтийже беретуғын еди. Миллионлаған ҳаяллардың ǝсирлер даўамында үйренген нǝрсесин түсиниў ушын маған бир неше жыл керек еди. Күйеўиңди «қайрамаў» керек. Буның пайдасы жоқ ҳǝм ǝшкаралаў да тǝсир етпейди. Сондай-ақ, ǝпиўайы сɵйлесиў де, керекли нǝрсени бермейди. Мен бундай жағдайда жалғыз ɵзгермейтуғын усылдың дуўа екенин билдим. Дуўа етиў — Қудайдың қатнасыўы ҳǝм жǝрдем алыўдағы ǝўметтен турады. Сен Оның алдында ɵзиңниң адасыўларың, жаман кейпиятың, керек емес ойларың менен кɵринесең, бирақ сен дуўа еткениңде, Қудай саған Ɵзиниң қарасларына ҳǝм ойларына қарсы болған нǝрселерди кɵрсетеди. Мениң күйеўиме ислегиси келмеген нǝрсесин ислетиўди мǝжбүрлеў мүмкин емес. Егер ол унамаған жумысын ақырына шекем ислесе де, бул ушын бизлер, яғный, жақынлары жуўап бериўимиз керек. Егер мен оны бир нǝрсе ислетиўге мǝжбүр етким келсе, онда мен жүрегимде Қудайдың тынышлығы боламан дегенше дуўа етемен ҳǝм кейин мен күйеўимнен анық бир нǝрсени ислеўди илтимас етемен. Айырым ўақытлары Қудай мениң бул машқалаға болған ойымды ɵзгертеди ямаса оның шешиминиң басқа жолларын кɵрсетеди, бундай ўақытлары мен ҳеш үндемеймен ҳǝм бул сораўға кейин ҳеш қайтпайман. Егер мен бир нǝрсени айтыўға асықсам да аўзымды ашыўға асықпайман, мен Қудайдың басқарыўы ушын дуўа етемен. Бирақ, буны үйрениў ушын маған кɵп ўақыт керек болды. Ҳǝммеси мен мына аятты оқыған ўақтымнан басланды: «Урысқақ ҳǝм ашыўшақ ҳаял менен жасаўға қарағанда, шɵлистанлықта жасаған жақсырақ» (Сулайман. нақ. мақ. 21:19). Негедур бул маған қатты батты. «Бирақ, Қудайым, онда мына «Жасырын сүйиспеншиликке қарағанда, ǝшкаралаў жақсырақ» [Сулайман. нақ. мақ. 27:5] деген аятты қалай түсиниўге болады? Ҳаяллар күйеўлери наҳақ болса, буны айтыўы керек емес пе? — деп Қудайға мүрǝжат еттим». Қудай былай деп жуўап берди: «Ҳǝмме нǝрсениң ɵз ўақты бар ҳǝм аспаннан тɵмендеги нǝрселерге ɵз ўақты … үндемеў ўақты ҳǝм сɵйлеў ўақты» (Ўазшы 3:1,7 — қа қараң). Гǝп сениң нени, қай ўақытта ислеў керек екенлигин билмеўиңде ҳǝм сен буны сүйиспеншилик пенен ислей алмайсаң». «Яқшы, Қудайым. Маған қашан сɵйлеўди, қашан үндемеўди ҳǝм дуўа етиўди кɵрсет». Бундай мүмкиншилик жүдǝ тез арада болды. Мен үйде ҳаяллардың дуўа етиў топарын аштым ҳǝм оның нǝтийжеси жақсы болғаны ушын күйеўиме де еркеклер ушын дуўа етиў топарын ашыўын усындым. Бирақ, ол буны еситкиси де келмеди. «Мениң бул ушын ўақтым жоқ», — деген жуўап пенен басын алып қашты. Мен оған бул ҳаққында қанша кɵп айтсам, ол сонша қарсы болды. Бирақ, Қудайдан «Үндеме ҳǝм дуўа ет» деген буйрығын алғанымда, мен усы жол менен барыў кереклигин шештим. Бул темада сɵйлеўди тоқтаттым ҳǝм дуўа ете басладым. Мен дуўа етиў топарынан да, мениң менен бирге дуўа етиўин сорадым. Еки жылдан кейин Майкл маған еркеклер ушын дуўа етиў топарын шɵлкемлестириў ойы бар екенин айтты. Сол топар ҳǝзирге дейин бар. Ол мениң бул ушын дуўа еткенимди билмейди. Бул мен күткендей тез жүз бермегени менен бǝри — бир орынланды. Егер мен Қудайға қулақ асып, үндемеўди үйренбегенимде, күткен нǝрсем усындай тынышлық пенен болмас еди. Мухаддес Китаптан белгили болған малика Естер патша күйеўине бир нǝрсе илтимас етпестен алдын дуўа етип, ораза тутып ҳǝм Қудайдың кɵрсетпелерин күтетуғын еди. Ол кɵп нǝрсениң картаға қойылғанын билетуғын еди. Ол күйеўине: «Сениң досларың-сатқын, олар бизлерди жоқ қылғысы келеди!», — деп алдына бақырып барған жоқ. Қудай күйеўиниң жүрегин таярлайман дегенше ол дуўа етип, күйеўине сүйиспеншиликте хызмет етти. Бундай жағдайда бизлер Қудайдан жǝрдем сорасақ, Ол бизлерге бǝрҳа керек сɵзлерди айтады. Бул жерде ең баслысы — ўақыт. Мен ɵзлериниң кескин, айырым ўақытлары ɵлтириўши сɵзлерин басқа адамларға: «Мен тек расын айттым» деп айтып, сɵзлерин ҳақлаған адамларды билемен. Бирақ, Мухаддес Китап былай дейди: «Ақмақ адам ашыўының ҳǝммесин шашады, ал ақыллы адам оны услап турады» (Сулайман. нақ. мақ. 29:11). Демек, сезимлеримизди ҳǝм ойларымызды услап билмеў — ақмақлық болып есапланады. Ҳақыйқатшыл болыў дегени — ɵмирдеги жағдайлардың ҳǝммесин ашық талқылаў дегени емес. Буның айырым адамлардың кеўлине тийетуғынын бǝрҳа еслеп жүриў керек. Бахытлы некеде ҳақыйқатшыл болыў шǝрт болғаны менен, күйеўиңниң надурыс қылықларын айтыў жақсы емес ҳǝм пайдасыз, себеби ол күйеўиң ҳаққында ҳақыйқатты ашпайды. Барлық ҳақыйқатлық — Қудайдың басқарыўында ҳǝм Оның ушын күйеўиңниң минез-қулқы машқала емес. Бизлердиң жумысымыз күйеўимизди ɵзлеримиз қǝлегенимиздей ҳǝрекет етиўге мǝжбүр етиў емес, ал оны Қудайға жақынластырып, оған Қудайдың тǝсир етиўине мүмкиншилик бериў. Сен нениң жаман, нениң жақсы екенин айырып үйрениўиң керек. Егер сениң жағдайларың бул дǝрежелердиң ҳеш бирине туўра келмесе, онда ɵзиңниң жеке пикириңди ɵзиңде услаўға ҳǝрекет ет ямаса кейин усы жағдайдың майда-шүйделерин тыныш талқылаў ушын бул машқала ушын дуўа ет. Мухаддес Китап бизлерди мынаған үйретеди: «Қудайдың алдында тилиң менен асықпа ҳǝм жүрегиң де сɵз айтыўға асықпасын. Себеби, Қудай аспанда, ал сен жердесең, соның ушын сениң сɵзлериң аз болсын» (Ўазшы 5:1). Еситиўге ўақыт бар, бирақ мǝслǝҳǝт бериўге емес. Мин тағыўдың орнына қоллап-қуўатлаў керек. Мен күйеўиңниң қǝлеўлерине қарсы бир сɵз де айта алмайтуғын тилсиз жанзатқа айланыўыңды ҳеш қашан усыныс етпеймен. Бул ондай емес. Қандай жағдай болмасын, ɵзиңниң қатнасың, ойларың ҳǝм сезимлериң ҳаққында айтыўға сениң ҳақың бар. Бирақ, бир күни айтып болып, күйеўиңди тыныш қоятуғындай, урыс-қағысқа дейин баратуғындай езиўди жоқ қылатуғындай даналыққа ийе бол. Егер бǝри - бир күйеўиңе жағымсыз сɵзди айтыўды шешсең, Қудайдан жǝрдем сора. Қудайдан күйеўиңниң қулағы тыңлаўға қолайлы жағдайды таңлап бериўин сора. Мен ишиңде сɵз толып кеткенде ɵзиңди услап турыў, қандай қыйын екенин билемен, бирақ, бул қанша қыйын болса да, жақсысы алдын Қудайға сɵзлериңди тыңлаўға рухсат бер ҳǝм Ол жүрегиңди Мухаддес Руўхқа толтырады. Егер күйеўиңиз екеўиңиздиң араңыздағы байланыс бузылған болса ҳǝм ҳǝр бир сɵз аўыр бататуғын болса, онда бул аңсат емес. Сол ўақытта мен сɵйлеместен алдын дуўа етиўди билмегениме ɵкинемен. Мениң сɵзлерим күйеўимди қырсықтыратуғын еди, себеби бизлер бир-биримиздиң бетимизге кейин ɵкинетуғындай дǝрежеде жаман сɵзлерди айтатуғын едик. Мен жақсылықты ойлап бир нǝрсе ислеўди усыныс етсем де, ол ɵзиниң «мен» дегенине басып кирди, — деп қабыллайтуғын еди. Бирақ, буны түсиниў оған Қудайдан келиўи керек еди. Бизлер денемизден емес, ал Қудайдан күш алғанымызда, бизлер сɵзимиз бенен бир нǝрсени, дǝлийллеўимиз ҳǝм олардан күш излеўимиз керек емес, «себеби Қудайдың Патшалығы сɵзден емес, ал Қудайдың күшинен ибарат» (Коринф. 1-х 4:20 — қа қараң). Ҳǝрекетти сɵзлер келтирмейди, ал оларды гүзететуғын Қудайдың күши. Егер сɵйлеместен алдын дуўа етсеңиз, олардың қандай күшке ийе екенлигин кɵрип ҳайран қаласыз. Егер үндемесең ҳǝм Қудайға ҳǝрекет етиўге рухсат етсең, онда ɵмириңдеги ɵзгерислерди кɵрип еле де кɵбирек таң қаласаң. ### ИСЕНИЎШИ ЯМАСА ИСЕНИЎШИ ЕМЕС Егер сениң күйеўиң исениўши болмаса, онда Қудай ҳаққында оған айтыўға ҳǝрекет етиўдиң не менен тамам болатуғынын билмеўиң мүмкин емес. Бул ҳаққында айтыў керек, ǝлбетте, бирақ егер күйеўиң еситкиси келмесе ҳǝм сɵзлериңе бийпǝрўа болса, онда айтыўдың кереги жоқ, жақсысы ҳǝрекетлериңди кейинге қалдырып, дуўа етиўди басла. Мухаддес Китап ҳаялдың күйеўинен сɵзлерсиз ҳǝмме нǝрсеге ерисиўи мүмкинлигин айтады, себеби ол ҳаялында кɵргенлерин, бақырып айтқанға қарағанда жақсы еситеди. Мухаддес Китап «Ҳǝй ҳаяллар, Масих Қудайға бойсынғандай, сизлер де күйеўлериңизге бойсыныңлар. Сонда олардың гейбиреўлери Қудайдың сɵзине қулақ аспаса да, сизлердиң Қудайдан қорқып ɵмир сүрип атырғаныңызды кɵрип, сɵзлериңиз арқалы емес, ал сиз ҳаяллардың үлгили ɵмириңиз арқалы қолға киргизилип, исениўши болады» (Петр 1-х 3:1-2) деп күйеўлер ҳаққында айтады. Қудай ҳǝзир жоқ нǝрсеге бардай етип қарайтуғынын айтады. Сен де, Оның үлгиси бойынша изине ерип, былай айта аласаң: «Мен ɵтирикке ислегим келмейди, бирақ мен күйеўимде ҳǝзир жоқ тǝреплерин бардай етип айтаман. Ол исениўши болмаса да, мен оған исениўшидей етип дуўа етемен». Əлбетте, оны ɵз еркине қарсы нǝрсе ислеўге мǝжбүр етиў сениң қолыңда емес, бирақ, сен Қудайдың даўысы күйеўиңниң жүрегине кириўи ушын дуўа етип, оған Қудайдың күшин аша аласаң. Күйеўиңниң Қудайға қараўы ушын қанша ўақыт кеткенлигиниң ǝҳмийети жоқ, егер бул ушын пүткил ɵмириң кетсе де, ең баслысы, бул ўақыттың зая кетпегенинде. Күйеўиң Қудайға исениў, я исенбеўине қарамай, сен бǝрҳа бул китапта усыныс етилген дуўаларды оқыўыңа ҳǝм аспаннан таң қаларлық жуўапларды күтиўиңе болады. ### ƟЗ ҮЙИҢДИ ОРНАТЫЎ Сен ɵзиңди қанша азат сезсең де, ҳаял болған ўақтыңда сениң мойныңда еки ўазыйпаң болады: үй ҳǝм балалар. Сен жумыс ислеп, ал күйеўиң үй жумыслары ҳǝм балаларға қарағаны менен, шаңарағыңның жаңарыў, ɵмир ҳǝм сүйиспеншилик булағы болыўы ушын үйиңди тынышлық ҳǝм келисимде жасаўға айландырыў саған исенип тапсырылған. Бирақ, буннан тысқары, сен жынысый қатнаста ǝжайып болыўың, жақсы аўқат писире алыўың, ǝжайып ана болыўың ҳǝм дене, руўхый ден — саўлықтың үлгиси болып қалыўың керек. Кɵпшилик ҳаяллар ушын бул жүдǝ аўыр болады. Бирақ, медалдың екинши тǝрепи де бар-сен буны бир ɵзиң кɵтериўиң керек емес, себеби сен Қудайдан жǝрдем сорай аласаң. Қудайдан шаңарағың ушын тири қарым — қатнас булағы ағып турған, аспандағы жасаў жерине уқсас етип, үйиңди орнатыўды үйретиўин соран. Қудайдан ҳǝмме нǝрседе, яғный, үйде тазалық болыўы, кийимлер жуўылыўы, асхана тǝртипте болыўы, музлатқыш толы болыўы ҳǝм кǝттиң үсти жыйналып турыўы ушын жǝрдем бериўин соран. Буның ҳǝммеси күнделикли жумыс болғаны ушын ҳǝр күни сени мақтаўды күйеўиңнен күтпе, бирақ ол бул үйренип қалған қолайлықларында бир нǝрсе жоқ болса сол ўақытта-ақ нǝзер аўдарады. Мениң күйеўим батарея ямаса лампочка алыў ушын шкафты бир айға дейин ашпаўы мүмкин, бирақ ол буны ислеген ўақтында батарея да, лампочка да сол жерде болыўы керек. Үйге жумыстан кеш келгенде, ол үйде нан болыўын күтиўге ҳақылы ҳǝм мен усындай болыўы ушын қолымнан келген ҳǝмме нǝрсени ислеймен. Мен Қудайдан күйеўим қуўаныш пенен қайтып келетуғындай ҳǝм досларын шақыра алатуғындай үйди орнатыўды сорайман. Бул ушын бай шараят болып, интерьерди қурыў ушын дизайнерди шақырыўдың кереги жоқ. Мениң биринши үйим жүдǝ кишкене еди ҳǝм мен алып сатарлардан сатып алған пайдаланған мебель менен безетилген еди. Мен үйимниң жақсы кɵриниўи ушын достым менен бирге дийўалды боядым. Буның ушын азғантай ойланыў ҳǝм ҳǝрекет жетерли еди. Жайыңның ҳақыйқый шаңарақ ушын үй болыўын қǝлесең, күйеўиңе шаңарақтың басы болыўына мүмкиншилик берип, ал ɵзиң оның жүреги болып қалыўың керек. Ҳǝм бас ҳǝм жүрек болыў жүдǝ аўыр. Қудай күйеўди ылайық, ямаса ылайық емеслигине қарамай шаңарақтың басы етип қойды. Қудайдың буйрығы усы. Бирақ, бул ерли-зайыптың биреўин жоқары қойыў дегени емес. Олар бирдей ǝҳмийетке ийе. Егер күйеўиң шаңарақтың басы болыў ҳуқықына ийе болса, онда оған басы болыўға рухсат ет. Шаңарақты бир ɵзиң тǝмийнлеп турған болсаң да, егер сен шаңарақтың жүреги болыўға шақырылған болсаң, соны ислеўге ҳǝрекет ет. Араңыздағы биринши болыў ушын келип шыққан урысыңыздың тийкары жоқ болсын. Бул жерде гǝп кимниң жумыс ислеп, кимниң үйде отырыўында емес, ал, үйдиң басы ҳǝм оның жүреги деген түсиникти қалай түсиниўиңизде. Қашанлардур мениң күйеўиме де, үй жумысларына ҳǝм балаларға ҳǝптелеп қараўға туўра келди, себеби мен белгиленген ўақытта шығарыў ушын китап үстинде ислеп атыр едим. Соған қарамастан, мен шаңарақтың басы болыўға урынбадым. Айырым ўақытлары оның дем алыўы ушын мениң жумыс ислеўиме туўра келди. Бундай жағдайларда ерли — зайыплылар арасындағы қатнасты сақлап қалыў ушын дуўа етиў керек. Үйде тǝртипти сақлаў — ҳǝмме нǝрседе минсиз болыў ҳǝм ҳеш қандай машқаланың жоқ екенин аңлатпайды, бул тек үйиңиздиң жағдайының бақлаў астында екенин аңлатады. Егер сизлер екеўиңиз де, шаңарақты тǝмийнлеў ушын теңдей жумыс ислесеңиз, онда үйдиң жумысларын бɵлисип алыўыңыз керек. Егер күйеўиңиз буған қосылғысы келмесе, онда сырттан адам жаллап, ақша тɵлеп ислетиў керек. Бул сораўға Қудайдан жол кɵрсетиўин соран. Жоқарыда айтылғанлардың ҳǝммеси сениң денеңе де, руўхыңа да тийисли, себеби олар сеннен айрықша ғамхорлық ҳǝм дыққатты талап етеди. Бир күни мен радиодан «ток-шоу» тыңладым, онда бир ҳаял белгили психологқа күйеўин жаманлады. Күйеўи оған сулыўлығың қалмады деп айтқан екен. Алып барыўшы оннан: «Сулыў болыў ушын сиз не иследиңиз?» — деп сорады. Қоңыраў қылған ҳаял не деп жуўап берерин билмеди. Сулыўлық ɵз-ɵзинен пайда болмайды. Ең сулыў ҳаяллар да сулыў болыў ушын кɵп күш жумсайды. Малика Естер де елиниң ең сулыў ҳаялы болған, бирақ соған карамастан ол патшаның алдына шығыў ушын бир жыл таярланған. Ҳǝр биримиз ɵзимизге мына сораўды бериўимиз керек: «Мен күйеўим ушын бǝрҳа сулыў болып кɵриниў ушын не ислеп атырман?». Мениң ǝтир суўларым жақсы ма? Мен күнде дене шынығыўын ислеп ɵзимниң денемди дурыс тутыў ҳǝм жаслығымды сақлап қалыў ушын ҳǝрекет етип атырман ба? Мен формамды ҳǝм жумыс ислеў қǝбилетимди сақлап қалыў ушын диета сақлап атырман ба? Мен заманагɵй кийинемен бе? Ең баслысы, мен ҳǝр күни Қудай менен ўақыт ɵткеремен бе? Сен қанша дǝрежеде Қудай менен бирге болсаң, сениң жүзиңнен сонша дǝрежеде нур шашылып турады. «Сүйкимлилик алдамшы, сулыўлық болса ɵткинши, бирақ Қудайдан қорқатуғын ҳаял мақтаўға ылайықлы аспанға кɵтериледи» (Сулайман. нақ. мақ. 31:30). Сен ɵзиңе, ден саўлығыңа ҳǝм келешегиңе дыққатсыз болмаўың керек. Бунда бир тамшы да ɵзин ойлаўшылық жоқ. Қудайдан нени, қалай ислеў кереклигин кɵрсетиўин сора. Мухаддес Руўх сенде ҳǝм үйиңде жасаўын сора. ### ҚЫЯЛДАН ҚУТЫЛАМЫЗ Тойымыздан кейин бир күни күйеўим жумыстан қоңыраў етип, ɵзи жақсы кɵретуғын шɵжени писириўимди илтимас етти. Мен дүкǝнға барып, керекли затларды сатып алып қǝлеген затын таярладым. Бирақ, ол үйге кирер кирместен босағада турып: «Бүгин мен шɵжени жегим келмей тур, мен бузаў гɵшин жегим келип тур», — деп айтты. Сизлер мениң сол ўақыттағы аўҳалымды кɵз алдыңызға келтире аласыз ба? Бундай ўақыя тек бир мǝрте болып қойған жоқ. Майкл кешки аўқатқа келиўге неше рет ўǝде берип, аўқатты столға қойғаннан 10 минут кейин қоңыраў қылып түнге дейин жумыс ислейтуғынын ҳǝм кǝсиплеслери менен бирге бир жерде аўқатланатуғынын айтқан ўақытларын санап ɵтиў мүмкин емес. Ақырында, мен ашыўланыўдың, ɵкпелеўдиң ҳǝм урыс шығарыўдың пайдасы жоқ екенин түсиндим. Ол мени, оның сезимлерин түсинбейтуғынымда айыплап, ɵзин ақлайтуғын еди. Егер мен ɵзимниң шағымларымды қайтадан кɵрип шықсам, екеўимизге де жақсы болатуғынын түсиндим. Соннан баслап мен Майкл ушын емес, ал ɵзим ҳǝм балаларым ушын аўқат писиретуғын болдым. Егер ол бизлерге қосылған жағдай болса, бул бизлер ушын күтилмеген саўғадай еди. Ал, егер қосылмаса, мен буған да кɵндим. Мен жағдайдан шығып кетиўди үйрендим. Күйеўиме ɵкпелеген ўақтымда, ɵзиме оның жақсы тǝреплерин еслететуғын едим. Мен оның үй жумысында ҳǝм асханада неше рет жǝрдем бергенин еслейтуғын едим. Ол садық күйеў ҳǝм буған гүман туўдыратуғындай бирде — бир себеп берген жоқ. Ол исениўши ҳǝм ол ибадатханаға барады, Мухаддес Китапты оқыйды ҳǝм дуўа етеди. Ол мени ҳǝм балаларымызды жақсы кɵреди. Ɵзиниң уқыбы менен ол Қудайды алғыслайды. Ол шаңарағын исенимли тǝмийинлейди. Ҳǝммеси буннан жаман болыўы да мүмкин еди, соның ушын ол кешки аўқатқа келген — келмегени себепли бақырыўдың кереги жоқ. Мен турмысқа шығып атырған жас ҳаялға некелик ɵмирге үлкен талаплар қойылған дизимнен, кейин күйеўиңниң бул дизим бойынша жасамайтуғынын билгениңде, кеўлиң қалмаўы ушын оннан қутылыўын мǝслǝҳǝт етип, жǝрдем бере аламан, — деп ойлайман. Əлбетте, некени дүзбестен алдын тɵмендегилерди талқылаўға болады: ақша мǝселеси, қамсызландырыў мǝселеси, садықлық, адамгершилик принциплери, сүйиспеншиликтеги дене ҳǝм руўхый бирлик ҳаққында. Егер сениң некеңде булар жоқ болса, сениң буны талап етиўиңе ҳуқықың бар. Егер ҳеш нǝрсе ɵзгермесе, сен бул ушын дуўа етиўиң мүмкин. Бирақ, айырым мǝселелерде сен оның кɵз-қарасларының сеникине туўры келиўин талап ете алмайсаң. Сениң талапларыңды орынлап, бийлигиңе шыдаўды еркеклер кɵтере алмайды. Буның орнына дуўаңда Қудайға барлық машқалаларыңды айт ҳǝм Оның жуўабын күт. Күйеўимизге тǝртип орнатыўға ҳǝрекет етип ҳǝм оған ɵзлеримиздиң кɵплеген талапларымызды қойсақ, олардың бизлердиң талапларымызға туўры келмейтуғынын кɵрип, бизлер ашыўланып, олардан кеўлимиз қалады, бунда бизлердиң де, тиккелей айыбымыз бар. Мениң некемдеги үлкен қыйыншылықлар Майклден үмитим пуш болғанда, оған деген кɵз-қарасым ҳақыйқый ɵмирде жоқ болып шыққанында пайда болды. Ɵзиңниң кɵпшилик қыялый кɵринислериңнен қутыл. Күйеўиңди ɵзгериўге мǝжбүрлеўиң ҳǝм оның саған унаў ушын ислеген ҳǝрекетлери пайдасыз болып шыққанлығы екеўиңизге де кеўил қалыўдан басқа ҳеш нǝрсе алып келмейди. Жақсысы, Қудайдан Ɵзине унайтуғындай етип күйеўиңди ɵзгертиўин сора, Ол буны жақсырақ ислейди, себеби «Қудай не ислесе де мǝңги бар болады: оған ҳеш нǝрсе қосыў ҳǝм оннан ҳеш нǝрсе алыў керек емес» (Ўазшы 3:4 — қа қараң). Күйеўиңди қандай болса, сондай етип қабыл ет ҳǝм оның минсизлиги ушын дуўа ет. Оның ɵзгерисин кɵрген ўақытта, Қудайдың күшиниң тǝсири усылай кɵринетуғынын бил. «Тек Қудайда мениң руўхым тынышлан, себеби мениң үмитим Онда» (Забур 61:6). Ɵзиңниң ең үлкен үмитиңди күйеўиңе емес, ал Қудайға тапсыр. ### ТИЙИСЛИ ҲҮРМЕТ Қудай ер адамнан ҳаялын жақсы кɵриўди, ал ҳаял адамнан күйеўин ҳүрметлеўди талап етиўин белгилеў қызық. «Солай етип, ҳǝр бириңиз ɵз ҳаялын ɵзин сүйгендей сүйсин. Ҳаял да, күйеўин ҳүрмет етсин» (Ефес. 5:33). Исенимли түрде айтыўым мүмкин, ҳеш бир ҳаял ɵзи жақсы кɵрмеген еркекке турмысқа шықпайды, бирақ, кɵбинесе, той ɵткеннен соң бир қанша ўақытлар ɵтип ол күйеўин ҳүрметлеўди тоқтатады. Ҳүрмет етиўдиң жоқ болыўының нǝтийжесинде сүйиспеншилик те жоқ болады. Бундай жағдайда еркеклерге бизлер ойлағанымыздан да кɵбирек аўыр болады. Күйеўиңе ҳүрметти жойтыўдың ақыбети, жүдǝ аўыр болыўы мүмкин. Даўыт патшаның ҳаялы Михол, келисим сандығын қалаға алып киятырғанда күйеўиниң Қудайдың ҳǝм барлық халықтың алдында ǝпиўайы кийимде қуўаныштан ойнағанын дыққат пенен бақлап турды. Михол күйеўиниң қуўанышын бирге бɵлисиўдиң орнына, оған жек кɵриўшилик пенен қарады (Патшалар ҳаққында 2-китап 6:16 — қа қараң). Ол болып атырған ўақыяға Қудайдың кɵзи менен қараўдың орнына күйеўин ҳүким етти. Ол күйеўин ҳүрметлемегени ушын қымбат тɵлем тɵледи. Қудай оны жазалады ҳǝм ол ɵмириниң ақырына шекем бала туўа алмайтуғын болды. Бизлер күйеўимизге тийисли ҳүрметти кɵрсетпесек, бизлер тек некемизге зыян келтирип ғана қоймастан, ал ɵзимизди де жаңа ɵмирден бос қалдырамыз. Жǝне бир мысал келтирип ɵтейин. Малика Вашти күйеўиниң буйрығына бойсынбай кешки аўқатқа келген қонақлардың алдына ɵзиниң патшалық сулыўлығын кɵрсетип шықпады. Ол буны күйеўиниң абыройы тɵгилетуғынын билсе де, ислемеди. «Бирақ патшаның ҳаялы Вашти ақталардың патшадан ǝкелген буйрығын орынлаўдан бас тартып, келиўди қǝлемеди. Патшаның буған қатты ғǝзеби келип, ашыўдан жанып кетейин деди…» (Естер 1:12-13 — қа қараң). Буның нǝтийжесинде Вашти ɵзиниң патшалық аўҳалын жойтты. Ол тек күйеўиниң ҳүрметине зыян келтирип қоймастан, қонақларға да, менсинбеўшилигин кɵрсетти. Егер, ҳаял күйеўиниң жүрегинде маликалық аўҳалын сақлап қалғысы келсе ҳǝм оның шаңарағының ҳǝм досларының кеўлине тиймеўди қǝлесе, ол оны пǝске тасламаўы керек (егер оның ойынша күйеўи буған ылайық болса да). Себеби, буның баҳасы жүдǝ жоқары. Егер бул нǝрсе сениң менен бǝрибир жүз берген болса, егер сен күйеўиңе ҳүрметсизлик кɵрсеткен болсаң, онда Қудайдың алдында бул ушын тез де тǝўбе ет ҳǝм сен былай деп айт: «Қудайым, мен Сениң Сɵзиңде жазылғандай етип күйеўимди баҳаламайтуғынымды мойныма аламан. Мен жүрегимде аўырыўдан қорғайтуғын дийўал қурып алдым. Бирақ, мен жүрегимниң шыпа табыўы ушын сол дийўалдың қулаўын қǝлеймен. Мен күйеўимди жетерли дǝрежеде ҳүрмет етпегениме ɵкинемен ҳǝм мениң оған ҳүрметсиз қатнасымның ҳǝм оған айтқан сɵзлеримниң Саған қарсы гүна екенин мойынлайман. Сен жүрегиме ҳақыйңый сүйиспеншилити бериўиңе қарсылық етип турған тосқынлықты алып тасла. Мендеги жаўызлық дийўалын алып тасла ҳǝм маған Саған унайтуғындай етип күйеўимди қалай ҳүрметлеўди үйрет. Қудайым, маған Сениң сүйиспеншилигиңе толы жүрек бер ҳǝм күйеўиме Сениң кɵзиң менен қараўыма жǝрдем бер». Бундай дуўа саған күйеўиңниң жақсы тǝрепин кɵриўге жǝрдем береди. Сен оны қоллап-қуўатлайтуғын сɵзлерди айтып үйренесең ҳǝм сизлердиң некеңиз жаңа ɵмирге толады. Егер дыққатыңды бǝрҳа жаман нǝрсеге қаратсаң, онда сүйиспеншилик ɵледи. Егер тек жақсылықты кɵриўге ҳǝрекет етсең, сүйиспеншилик артады. Егер сениң кɵкирегиңде Қудай жасайтуғын, күйеўиңе деген сүйиспеншиликке толы жүрек урып турса, сен ҳǝмме нǝрсеге жаңа кɵз бенен қарап баслайсаң. Ўақты-ўақты менен саған күйеўиңниң ҳǝрекетиниң мǝниси, сезимлери түсиниксиз болады, бирақ Қудай саған даналық береди ҳǝм жағдайға ҳақыйқатлық пенен қараўға жǝрдем береди. Қудайдан усы қǝбилетти сый етип бериўин сора. Сен ɵзиң турмысқа шыққан ҳаялдай дуўа еткениңде, ойыңда Мухаддес Китаптағы жақсы ҳаялдың үлгисин тут. Мухаддес Китапта жақсы ҳаял үйине ғамхор болады ҳǝм оны басқарады, ол ақшаны даналық пенен басқарып, оны дурыс пайдаланады. Ол ɵзиниң ден саўлығына ҳǝм сыртқы кɵринисине қарайды. Ол мийнет етип, баҳалы кǝсипке ийе болады ҳǝм ол кɵп нǝрсе билип, бǝрҳа келешектиң ғамын ойлайды. Ол күйеўиниң абройын сақлап турады. Ол күшли, ɵзине исенимли ҳǝм қартайыўдан қорықпайды. Оның сɵзлери даналық ҳǝм мийримлилик пенен ажыралып турады. Ол бǝрҳа үйинде не болып атырғанынан хабардар. Күйеўи менен балалары оны мақтайды. Ол сыртқы сулыўлыққа сүйенбейди ҳǝм ең жақсы безеў — Қудайдан қорқыў екенин биледи. Ол күйеўине жумысларында жǝрдем береди ҳǝм шадлы турмыста жасайды делинген (Сулайман. нақ. мақ. 31 — қа қараң). Мине, ǝжайып ҳаялдың сүўрети — тек Қудайға толық бойсыныўда болыўы мүмкин. Ал, бул жетискенликлердиң гүлшеңбери — күйеўи оған исенеди, себеби «ол ɵмириниң ақырына дейин жаўызлық пенен емес, ал жақсылық пенен қайтарады» (Сулайман. нақ. мақ. 31:12 — қа қараң). Мен ҳаялдың күйеўи ушын беретуғын ең үлкен «жақсылығы», — бул оның дуўасы екенин билемен. Демек, дуўа етемиз бе? #### ДУЎА Қудайым, маған жақсы ҳаял болыўға жǝрдем бер. Мен буны Сениң жǝрдемиңсиз ислей алмайтуғынымды жақсы түсинемен. Меннен ɵзимди ойлаўшылықты, шыдамсызлықты алып тасла ҳǝм оларды жақсылық, қурбан етиў ҳǝм сабырлыққа айналдыр. Мени жаман қылықлардан ҳǝм кейпияттан, қатал сɵзлерден ҳǝм қорғаныў сезиминен азат ет ҳǝм маған шыдамлылық, мийримлилик, садықлық, мүлǝйимлилик сезимин бер ҳǝм ɵзимди басқарыўға үйрет. Мениң жүрегимди жаўызлықтан емле ҳǝм дийўалларды Ɵзиңниң ашылысларыңның күши менен жоқ қыл. Адам ɵмиринде жетистиретуғын Мухаддес Руўхтың жемиси-сүйиспеншилик, тынышлық, сабырлылық, мийримлилик, қайырхомлық, садықлық ҳǝм мүлǝйимлилик ҳǝм ɵзин тутып билиў. Бундай ислерге қарсы ҳеш қандай нызам жоқ (Галат 5:22 — қа қараң). Мен ɵз күшим менен ɵзим кɵтериле алмайман. Тек Сен мени ɵзгерте аласаң. Маған жүрегимдеги гүнаны, ǝсиресе, күйеўиме қатнаслы болған гүналарды кɵрсет. Мен оны ылайықлы етип жақсы кɵрмегеним ҳǝм ҳүрметлемегеним ушын кеширим сорайман. Маған ɵкпелеў, ашыў ҳǝм кеўил қалыўдан қутылыўға ҳǝм Сениң кеширгениңдей ɵтмишти еслетпей толық кешириўге жǝрдем бер. Некемди шыпалаўды ҳǝм оған тынышлық алып келиўди билиўиме жǝрдем бер. Күйеўим екеўимиздиң арамызда саў қарым - қатнасты оят. Бизлерди ажырасыў басланатуғын босағадан шетлетип, алып ɵт. Күйеўимниң жǝрдемшиси ҳǝм достына айланыўыма жǝрдем бер. Үйимди ол қуўаныш пенен қайтып келетуғындай тынышлық ҳǝм татыўлық түсиниўшилик орны етиўге жǝрдем бер. Бǝрҳа сулыў болыў ушын ɵзиме қараўды үйрет. Күшке толған, ишки дүньясы, руўҳы, ақылы пүтин ҳаял болыўым ушын маған жǝрдем бер. Мени күйеўим мақтана алатуғындай ҳаялға айналдыр. Мен барлық үмитимди Сениң атанағыңа алып келемен. Тек ғана Сен қанаатландыра алатуғын талапларымды, мен күйеўимнен талап етпеймен. Оны қандай болса, сондай етип қабыл алыўыма ҳǝм оны ɵзгертиўге ҳǝрекет етпеўиме жǝрдем бер. Мен оның толық ɵзгере алатуғынын билемен, бирақ мен онда Сен жарата алатуғын ǝжайып ɵзгерислерди кɵриўге үмитленемен. Мен Сениң оны жақсы тǝрепке ɵзгертиўиңе исенемен ҳǝм ҳеш биримиз минсиз емес екенимизди мойынлайман. Қудайым, тек Сен минсизсең ҳǝм Сен бизлерге минсизликке жақынласыўға жǝрдем бересең деп үмитленемен. Маған күйеўим ушын дуўа етиўди үйрет ҳǝм мениң дуўамның тилин ҳақыйқый сүйиспеншилик тилине айналдыр. Егер бизлердиң сүйиспеншилигимиз ɵлсе, оны тирилт. Маған ҳақыйқый сүйиспеншиликтиң не екенин кɵрсет ҳǝм сүйиспеншиликти күйеўим сезетуғындай етип кɵрсетиўге үйрет. Ҳǝмме нǝрседе келисимли болыўымыз ушын арамызда бирликти жарат (Амос 3:3 — қа қараң). Шыдамлылық ҳǝм жигерлендириў - Қудайдан. «Сабырлылық ҳǝм жубаныштың тийкары болған Қудайдың Ɵзи сизлердиң Масих Ийсадан ɵрнек алып, аўызбиршилик пенен жасаўыңызға жǝрдем етсин» (Рим 15:5 — қа қараң). Бизлердиң бир команда болыўымызға жǝрдем бер ҳǝм бир-биримизге жарысып, ғǝрезсиз болыў ушын, гүресимизди тоқтат. Солай етип, ɵзлеримизди тынышлық алып келетуғын ҳǝм ɵз-ара руўхый күш беретуғын ислерге бағышлайық (Рим. 14:19 — қа қараң). Бизлер «бир ой ҳǝм бир мақсет пенен бирлескен» (Коринф. 1-х 1:10 — қа қараң) болайық. Мен Саған ҳǝм бир-биримизге бағышланыўымыздың күннен-күнге беккемлениўи ушын дуўа етемен. Сениң буйрығыңа тийкарланып, күйеўиме шаңарақтың басы болыўына жǝрдем бер. Оны қоллап-қуўатлаўға, ҳүрметлеўге ҳǝм бийикке кɵтерилиўге жǝрдем бериўди үйрет. Оның жүрек қǝлеўлерин түсиниўге ҳǝм оның пикирин бɵлисиўге жǝрдем бер. Маған оның талпыныўларын ҳǝм мүтǝжликлерин аш ҳǝм машқаланы пайда болмастан алдын кɵрсет. Бизлердиң некемизге ɵмир бер. Қудайым, мени басқа адамға ɵзгерт. Ɵмирге жаңадан жигер менен қараўға жǝрдем бер. Маған күйеў қылып берген адам менен қарым-қатнасымызға жаңалық киргиз. Оған басқаша қараўға жǝрдем бер, жүрегимди таза сүйиспеншиликке, қǝлеўлерге толтыр. Мени Қудайдың жаңа жаратылысына ҳǝм ылайықлы ҳаял ет. ##### СЕНИҢ ДУЎАҢДЫ ҲƎРЕКЕТКЕ КЕЛТИРИЎГЕ ЖƎРДЕМ БЕРЕТУҒЫН МУХАДДЕС КИТАПЛЫҚ АЯТЛАР Сонлықтан да сизлерге айтатуғыным: дуўа еткениңизде нени сорасаңлар да, алғаныңызға исениң, сонда ол сизлерге береди. Дуўа етип турғаныңызда, биреўге ɵкпели болсаңыз, оны кешириң, сонда аспандағы Əкеңиз де сизлердиң гүналарыңызды кеширеди. (Марк 11:24-25) Ал бир-бириңизге мийирман ҳǝм жан ашыр болыңлар. Қудай сизлерди Масих арқалы кеширгендей, сизлер де бир-бириңизди кешириңлер. (Ефес. 4:23) — Сораңлар, сизлерге бериледи. Излеңлер, табасызлар. Есикти қағыңлар, ол сизлерге ашылады. Себеби, сораған ҳǝр бир адам алады, излеген табады, есик қаққанға ашылады. (Матта 7:7-8) Үй даналық пенен қурылады ҳǝм ақыл менен тастыйықланады. Бɵлмелер болса билим менен түрли қымбат баҳа байлыққа толады. (Сулайман. нақ. мақ. 24:3-4) Солай екен, жақсылық ислеўден жалықпаңлар. Егер ҳǝлсизленип қалмасақ, ўақты келгенде жемисин орып аламыз. (Галат. 6:9) # 2-БАП ## ОНЫҢ ЖУМЫСЫ Бил жумыс ислемейди. Ол шаңарақтағы ақша мǝселесиндеги барлық жуўапкершликлерди ҳаялы Кимге жүклеген. Ал, ɵзи болса бул ўақытта ǝрманларға бериледи. Бирақ, он жети жылдан берли нǝтийжеси жоқ жобаларды дүзип атырған пайытта Кимниң жалғыз ɵзине қаржы аўырманлығын кɵтериў қуўаныш бағышламайды. Мен Билдиң ҳǝлсизлигиниң тийкарында қорқыныш бар екенине исенемен. Ол егер ǝрман еткен жумысын таба алмаса, ɵмириниң ақырына дейин ɵзи жек кɵрген жумыста ислеўине туўра келетуғынынан қорқады. Стивен толығы менен ɵзин жумысқа бағышлайды. Ол я дем алыўды, я мийнетиниң нǝтийжесинен рǝҳǝтлениўди билмейди. Ол шаңарағы менен анда-санда бирге болады, ал оның балалары болса, ер жетип атыр. Ол «ɵгиз»дей болып, мүтǝж болғаны ушын жумыс ислемейди, ал бир күни тоқтап қалсам адамлар мени ҳүрметлемей қояды ҳǝм ɵзимниң кɵз алдымда ɵзим қулайман деп қорқады. Бизлер еркеклердиң жумысқа болған қатнасын келтирдик, — бул бир тǝрептен ɵзин ойлаў, қорқыныш, ɵзине исенбеў, келешегинен қорқыў себеплери менен жумыс ислеўден бас тартыў болып есапланады. Ериншеклер ҳаққында Қудай былай деген: «Есик ɵз илдиргишинде айналады, ериншек болса ɵз орнында» (Сулайман. нақ. мақ. 26:14 — қа қараң). Ямаса: «...уйқышыл жыртық кийим кийеди» (Сулайман. нақ. мақ. 23:21 — қа қараң). Жǝне: «Ериншектиң жолы тикенли жолға уқсайды…» (Сулайман. нақ. мақ. 15:19 — қа қараң), сондай-ақ: «Ериншектиң ǝрманы ɵлимге алып келеди, себеби қоллары жумысқа бармайды…» (Сулайман. нақ. мақ. 21:25 — қа қараң). Басқа сɵз бенен айтқанда, ериншек адам ҳеш нǝрсеге ериспейди, оның ҳеш қандай мүлки болмайды, бирақ оның жолы тикенли болады ҳǝм ақырында оны ɵлимге алып барады. Екинши қатнас — бул жумысқа тамырдың ақырғы урыўына дейин берилиў. Бундай адамлар ҳаққында Қудай былай айтқан: «Ашкɵзлик пенен тартып алатуғынлардың аўҳалы мынаў, олар ɵз ɵмирин қыяды» (Сулайман. нақ. мақ. 1:19 — қа қараң); «Мен қолларым ислеген барлық жумысларға ҳǝм ислеп атырған мийнетиме қарадым: ҳǝм мине ҳǝммеси-албыраўшылық ҳǝм шаршаў руўҳы ҳǝм қуяш астында олардан пайда жоқ!» (Ўазшы 2:22). Демек, берилип жумыс ислеў адамның ɵмирин бослыққа айландырады ҳǝм ɵмириниң мǝнисинен айырады. Биринши вариант та, екинши вариант та адамды бахытлы қылмайды ҳǝм оның ɵмирин жемиске толтырмайды. Тек Қудайдың жǝрдеми менен ғана алтын ортаны таўып, жаңа ɵмирди баслаўға болады. Адамның анаў ямаса мынаў илажсызлыққа кириўине қорқыныш себеп болады. Ɵзин жумысы менен сǝўлелендириў еркек адамға тǝн ҳǝм оның еркеклик «мен» дегени соған байланыслы. Ол биреўдиң ɵзин баҳалаўына мүтǝж ҳǝм ол ɵзин жеңимпаздай сезгиси келеди. Ал, бул мақсетлерге ерисиўди ол жумысында кɵреди. Ол ǝўметсиз болыўдан қорқады. Егер ол қǝбилетине сǝйкес емес, яғный, тɵмен жумысларды ислесе, бул оны пǝске таслайды. Егер ол, жумысларының нǝтийжесин кɵрмесе, бул да оны шаршатады ҳǝм ол ɵзиниң қүдирети жетпейтуғынын сезеди. Қудай еркек адам ушын жумыс ɵмирден қанаатланыў белгиси екенин биледи. Ол былай деди: «…егер қандай адам …ɵзиниң мийнетинде жақсылық кɵрсе, онда бул Қудайдың сыйы» (Ўазшы 3:13 — қа қараң). Егер еркектиң ɵз жумысына кеўли толмаса, бул сол жумыс себепли емес, ал сол жумыстың ел ушын мǝниске ийе болыўында. Жумысында мǝнис кɵрмеген еркек бир күни неше жыл күш сарплап ислеген жумысының келешеги жоқ екенлигин ҳǝм бул жумыстың ɵмирин бағышлаўға турмайтуғынлығын биледи. Соның менен бирге еркек үлкен жаста болса, онда оның ойында мынадай пикирлер болыўы мүмкин: «Сен ҳеш кимге керек емессең. Сениң орныңа қǝлеген адамды алыўға болады. Сен алдын ислеген жумысыңды ҳǝзир ислей алмайсаң. Бир нǝрсе үйрениўге сен жүдǝ қартайғансаң. Сениң үмитиң жоқ». Бундай жағдай еркек ушын жүдǝ қǝўипли болыўы мүмкин. Гэри, оның ǝкеси ҳǝм атасы ɵмирлеринде ақша мǝселесинде бирдей машқаланы бастан кеширген. Олардың ҳǝр бири жүз берип атырған жағдай туўралы жүдǝ кеш ойлайтуғын еди. Үшеўи де қандай екенлигин ойламастан жумысларын ɵзгертетуғын еди. Олар бǝрқулла қарсы майданында гүрес алып баратуғын еди. Олардың ата-анасы ҳеш қашан балаларының уқыбы ашылыўы ҳǝм пайдасы тийиўи ушын олардың ɵмирине Қудайдың жарылқаўы келиўи ҳǝм олардың алдында жумысларын орынлай алыўы ушын барлық жоллардың ашылыўы ушын дуўа етпеген еди. Кɵринип турғанындай, Қудайдың жǝрдеми жоқ жерде ўақыя усылай қайталана береди. Мен ата-аналары тынбай дуўа ететуғын адамлардың ɵзлерин қанаатландыратуғын жумыс табыўда ǝўметлирек екенлигин кɵрип жүрмен. Бǝлким, олардың карьерасының басланыўы қыйын болыўы мүмкин, бирақ олар ɵзлериниң мақсетин ҳǝм ɵмирдеги ўазыйпасын биледи ҳǝм бул оларға туўры жолда барыўына жǝрдем береди. Басқа адамларға таныс болған шаршаў ҳǝм үмитсизлик сезими, оларды шетлеп ɵтеди. Балаларының ɵмирин жобаластыратуғын ата-аналардың арасында айырымлары ғана Қудайдың жобасын түсиниўге ҳǝрекет етеди. Егер балалардың ɵмири жағдайдың еркине берилсе, онда ол кеўил қалыў, гүман, үмитсизликтен басқа ҳеш нǝрсе алып келмейтуғын кǝсиплерди излеп, сарсан болады. Егер сениң күйеўиңниң ɵмири усылай басланған болса, сениң дуўаларың оны ɵзгертиўи мүмкин. Егер сениң күйеўиң ата-анасының дуўасынан бос қалған болса, сен буны туўрылаўың мүмкин. Сен оның кɵзиниң ашылыўы ҳǝм Қудайдың жобасын кɵрип, кɵрсеткен жолында жүриўи ушын дуўа етиўиң мүмкин. Сениң дуўаларың жǝрдеминде күйеўиң, қандай жумыста ислеп атырғанлығына қарамастан, ɵзин керекли ҳǝм қǝдирли етип сезеди. Сен оны Қудайдың оған уқып бергенине ҳǝм оның ушын таң қаларлық келешек таярлап қойғанына исендириўиң мүмкин. Буннан соң Қудайдан күйеўиңниң ɵзинде жаңа мүмкиншиликлерди кɵрип, түсиниўине жǝрдем бериўин соран. Ɵзиңниң дуўаларың менен сен оның жолларына тас тɵсеўиң мүмкин. Егер күйеўиңниң жумысы ǝўметли болса, бǝри — бир оның жумысы Қудайдың ерки менен ислениўи ушын дуўа ет, сонда ҳǝммеси жақсы болады. Мениң күйеўим қосықлар ушын нама жазады ҳǝм ол нама продюсери болып ислейди. Ол маған дуўаларымның жумысы барысында жǝрдем бергенлиги ҳаққында бир неше рет айтқан. Ол жумысында ҳеш қашан «қыйын», жаўыз адамлар менен ислеспеген, егер бул жумыстың айрықшалығын есапқа алсақ, бул ҳақыйқый кǝрамат. Мен бǝрҳа Қудайдан, күйеўимниң жақсы адамлар менен ислесиўи ҳǝм оған кеўилсизлик келтиретуғын адамлардың оннан шетлеп ɵтиўи ушын дуўа етип сорайтуғын едим. Бизлердиң дуўамыз күйеўлеримиздиң жумысын ҳеш қандай қыйыншылықсыз қыла алмаса да, олардың жумысын жеңиллете алады ҳǝм оларды кɵплеген машқалалардан азат ете алады. Егер сениң күйеўиң жумысқа берилип кеткен адам болса, оның арасында дем алыўы ҳǝм кеўил кɵтериўи ушын ҳǝрекет ет ҳǝм шаңарақтың ақша мǝселесинен аз ўақыт болса да азат ет. Еркеклер дем алыўға мүтǝж. Дем алыўсыз олар «жумыста ɵртениўи» ҳǝм мүмкин болған азғырылыўлар алдында ҳǝлсиз болыўы мүмкин. Сениң дуўаларың күйеўиңе ɵмирдиң мǝниси жумыста емес, ал Қудайдың изинен жүриўде екенин түсиниўге жǝрдем береди. Күйеўимиздиң бул тең салмақлықты табыўы ушын дуўа етейик. #### ДУЎА Қудайым, мен күйеўимниң жумысын жарылқаўың ушын дуўа етемен. Жумыс оған тек ǝўмет ҳǝм финанслық ɵсиўин ғана емес, ал оған үлкен қанаатланыў алып келсин. Егер оның жумысында қандай да нǝрсе, оның ɵмири ушын Сениң еркиңе туўры келмесе, буны оған ашып кɵрсет. Оған қай жерде қǝтелескенин кɵрсет ҳǝм оны туўры жолға сал. Оған күшке толыўына, келешегин кɵрип, үйрениўине ҳǝм ҳǝлсизлик пенен ериншекликтен қутылыўына жǝрдем бер. Ол жумысынан қорқыныш, ɵзин ойлаўшылық ямаса жуўапкершиликтен қорыққаны ушын бас тартпасын. Сондай-ақ, оған басқа адамларға унаў ушын жумысқа қатты кирип кетиўи керек емеслигин кɵрсет. Сен оған берген нǝрсеңнен кɵбирегин ҳеш қашан қǝлемеўине жǝрдем бер. Оны ɵзиниң ǝўметине қуўаныўына ҳǝм оннан да үлкенирегине ийе болыўға ҳǝрекет етиўге үйрет. Оның жақсы жумыс ислеўине жǝрдем бер, бирақ ǝўмет жолында ҳǝр қандай тǝсирден ҳǝм мǝжбүр болыўдан азат ет. Ол не ислесе де, Сениң менен бирге ислеўи ҳǝм Сен оның жумысының Баслығы болыўың ушын дуўа етемен. Сен берген сыйларға исенип, ɵз жумысын излеўине, табыўына ҳǝм ылайықлы ислеўине оған жǝрдем бер. Оған ҳеш бир адам жаба алмайтуғын келешектиң есигин аш. Оның тǝжирийбесин күшейт ҳǝм ҳǝр жылы оларды жақсылаўға жǝрдем бер. Күйеўиме қандай жǝрдем бере алатуғынымды кɵрсет. Мен оның исенимли, ǝўметли, ɵзине унайтуғын ҳǝм жетерли ақша тɵлейтуғын жумысы болыўы ушын дуўа етемен. Ол бǝрҳа мына ўǝсиятқа садық болсын: «Үмит етип, қуўанып жасаңлар. Қыйыншылықларда сабырлы болыңлар. Үзликсиз дуўа етиңлер» (Рим. 12:12). Ол ɵз ўақтында жемис келтиретуғын, Сениң тири суўыңның ағысында егилген терекке уқсаған, шараяттың басымынан қыйсаймаўына жǝрдем бер ҳǝм оны руўҳый беккемле (Забур 1:3 — қа қараң). ##### СЕНИҢ ДУЎАҢДЫ ҲƎРЕКЕТКЕ КЕЛТИРИЎГЕ ЖƎРДЕМ БЕРЕТУҒЫН МУХАДДЕС КИТАПЛЫҚ АЯТЛАР Ɵз исине шаққан устаны кɵрдиң бе? Ол ǝпиўайы адамларға емес, ал патшаға хызмет қылады. (Сулайман. нақ. мақ. 22:29) Бай боламан деп ҳǝрекет қылма, бул ойыңнан ўаз кеш. Байлық кɵзди ашып-жумғанша жоқ болады, бүркиттей қанат қағып, аспанға ушып кетеди. (Сулайман. нақ. мақ. 23:4-5) Адам пүткил дүньяны ийелеп алып, бирақ ɵз жанын жоғалтса, буннан оған не пайда? Ол ɵз жаны ушын қандай тɵлем бере алады? (Матта 16:26) Ериншекликтен тɵбе салбырайды ҳǝм қолың тɵмен түскенде үйге суў тамады. (Ўазшы 10:18) Қудай Ийемиз бизлерге разы бола кɵрсин, қолға алған жумысымызды оңына қарат, Қудайым жумысымызды жарылқай гɵр! (Забур 89:17) # 3-БАП ## ОНЫҢ ҚАРЖЫСЫ Күйеўиңниң пүткил ɵмириндеги ǝўмет, кɵбинесе оның ақшаға болған қатнасына байланыслы. Оның жүреги сақый ма, ямаса сықмар ма? Ол басқалар ушын қуўана ала ма ямаса оны қызғаныш қыйнай ма? Ақша ол ушын жарылқаў ма ямаса нǝлет пе? Ол ɵзиниң қаржысын даналық пенен бе ямаса ойсыз басқара ма? Араңызда ақша мǝселесинде қарсылық жоқ па, ямаса бǝрҳа урысасыз ба? Некеңиздеги ақша үстинде урыслар ямаса олардың жетпеўи ҳǝм үлкен қарызлар сыяқлы қыйыншылықлардан аўыр нǝрсе жоқ. Егер бизлер ийе болған нǝрсемиздиң Қудайдың ерки бойынша екенин билсек ҳǝм егер бизлер бар нǝрсемизге Қудайды Басшы етип шақырсақ, бизлер ақша менен байланыслы машқалалардан қутыламыз. Күйеўим бǝрҳа жақсы ақша тапса да, ақшаның муғдарына қарағанда, оның жумысы бǝрҳа «бирде суйық, бирде қойыў» усылында қурылатуғын еди. Бир күни кризис бир жыл даўам етти ҳǝм буны ҳǝммемиз сездик. Бизлерге ақша бериўи керек болған кǝрханалар да, нақ ақшасы болмағанлықтан, бизлерге бир тыйын да, тɵлей алмады. Бул жүдǝ аўыр ўақыт еди, бирақ егер бизлер Қудайға сүйенип, Оған барлық қаржы машқаламызды тапсырмағанымызда, ҳǝммеси буннан да жаман болатуғын еди. Бизлерди Қудайды тыңлағанымыз ҳǝм ибадатханаға он пайыз бериўимиз ғана жигерлендиретуғын еди. Қудай былай дейди: «Ɵзиңниң он пайызыңды қаржы сақлаў үйине алып кел ҳǝм аспан пердесин сизлерге ашаман ба ҳǝм сизлерге жарылқаў жаўдыраман ба, қараң» (Малахия 3:10). Бизлер жарлы ҳǝм мүтǝж адамларға садақа бериў буйрығына да бойсындық: «Бийшараларға жаны ашыған адам бахытлы. Ақырзаман күнинде Қудай оны қутқарады» (Забур 40:2). Бизлер жǝне: «Қудайды излеген ҳеш қандай жақсылыққа мүтǝж болмайды…» деген Мухаддес Китаптың ўǝдесин есте туттық (Забур 33:11 — қа қараң). Бизлер ҳақыйқаттан да Қудайды изледик. Бизлер Оған ɵмир булағындай сүйенип, Оның ўǝсиятларын орынласақ, бизлер Оның жарылқаўын аламыз. Бизлер неге мүтǝж болсақ, Ол бизлерге береди ҳǝм сондай болды. Егер ɵзиңниң қаржы мǝселеңди Қудайға тапсырып ҳǝм бул сораўда Оның еркин орынласаң, кɵплеген ақша мǝселеңиз шешилиўи мүмкин. Бул Ол буйырған ўақытта бериўди билдиреди. Қудай Ɵзиниң еркин орынлаўшыларға қорғаў, қутылыў, жарылқаў ҳǝм жаңа ɵмирге толыўын ўǝде етеди. Егер керисинше болса, бизлер жарлылық алып келетуғын пǝске тасланыўды кɵремиз. «Ким жарлының жылағанына қулақ аспаса, ɵзи де жылағанда ҳеш ким жуўап бермейди» (Сулайман. нақ. мақ. 21:13). Сықмарлық сени бар затыңа қуўаныўды билиўиңнен айырады, ал бул сени ɵмириңде кɵплеген машқалаларға алып келеди. Қурбанлық етиўди билмейтуғын бай адамлар да бар, бирақ егер олардың ɵмирине жақсырақ сер салсақ, олар Қудайдың кɵплеген жарылқаўларын алмайтуғынын кɵремиз. Мысалы, ишки пүтинлик, қорғаў, сүйиспеншилик, руўхый тынышлық, ден саўлық ҳǝм толық ɵмирди кɵрмейди ҳǝм буның себебин ɵзлери де түсинбейди. Олар ɵзлериниң байлығын сақлайды, бирақ оған қуўаныў қǝбилетин жойтады, буның себеби, олар ҳақыйқый ɵмирдиң Қудайды билиўдиң гилти ҳǝм Оның жолы менен жүриўде, екенлигин билмейди. Ал, бул толық исенимде ɵзиниң ўақты, күши, сүйиспеншилиги, қǝбилетин қаржы мǝселесин Оның қол астына тапсырыў дегенди аңлатады. Күйеўиң ɵмирге деген усы гилтти табыўы ушын ҳǝм ɵзиниң қаржы мǝселесине Қудайдың еркин түсиниўи ушын дуўа ет. Оның сақый жүрекке ийе болыўы ушын ҳǝм бар затын басқалар менен бɵлисиўи ҳǝм оннан кɵбирегин излемеўи ушын дуўа ет. Мен кɵбирек ақша табыў жаман деп айтажақ емеспен, керисинше. Еркек ɵзиниң жумысы ушын ылайықлы пул алыўы керек, ал ҳаял болса бул ушын дуўа етиўи керек. Руўхыңды шаршататуғын ҳǝм ақыры жарлылыққа, яғный оның қайғы, ашыўланыў, қызғаныш аўырыўлары сыяқлы жолдасларын алып келетуғын ҳǝр түрли аўыр мийнет адам ушын ылайықлы есапланбайды. Не болса да күйеўиңе Қудайдың қолынан жарылқаў жаўыны қуйылыўы ушын дуўа ет. «Ийемиздиң жарылқаўы байлық келтиреди ҳǝм байлыққа ғам-тǝшўиш келтирмейди» (Сулайман. нақ. мақ. 10:22). Бизлердиң қаржы мǝселесиндеги қыйыншылықларымыздың ҳǝммеси дуўа жǝрдеминде шешиле бермейди, себеби айырым ўақытлары Қудай бир нǝрсеге дыққатыңды қаратыў ушын ямаса бир нǝрсеге үйретиў ушын усындай қыйыншылықты қолланады. Бирақ, сондай болса да, дуўаларың күйеўиңди керек емес гүрестен қорғайтуғынына гүманланба. Қудай қулақ асатуғын, миннетдар ҳǝм сақый жүреклерди ҳǝм ɵзлериниң байлықларын Қудайда кɵретуғынларды жарылқағысы келеди. «Ɵйткени байлықларыңыз қай жерде болса, кеўиллериңиз де сол жерде болады» (Матта 6:21). Қудай күйеўдиң байлығын ақшаларда емес, ал Ɵзинде табыўын қǝлейди. #### ДУЎА Қудайым, мен барлық қаржыларым сенде екенине исенемен. Олардың Басшысы бол ҳǝм оларды Ɵзиңниң мақсетиңде қоллан. Екеўимизге де, Сениң сыйларыңды дурыс қолланыўға жǝрдем бер. Ақшаны саўыў мǝселесинде бизлерди толық бирликте болыўымызға үйрет. Мен қарыздың аўыр қыйыншылығынан азат болыўымыз ушын дуўа етемен. Қай жерде ҳǝм қай ўақытта, надурыс ислегенимизди бизлерге кɵрсет ҳǝм бизлерди даналыққа үйрет. Қулаған нǝрсени қайтадан кɵтер ҳǝм бизлерди басқар. Байлығымызды кɵбейтиўде даналық пенен қатнасыўыма жǝрдем бер. Бизлер бǝрҳа ийе болған затымыздың ҳǝммеси Саған тийисли екенин есте тутайық ҳǝм бул ушын бǝрҳа Саған миннетдар болайық. Сен Ɵз Сɵзиңде ўǝсият еткениңдей (күйеўиңниң аты) қурбанлық етип, үйрениўи ушын дуўа етемен. Қаржысын басқарыўында оған даналық бер ҳǝм ақшасын даналық пенен жумсаўына ҳǝм келешегин даналық пенен жобаластырыўына жǝрдем бер. Оның жумысына бǝрҳа жақсы ақша тɵлесин, оның ақшалары бǝрҳа урланбаған ҳǝм босқа жумсалмаған, яғный, пүтин болсын. Оларды кɵбейт ҳǝм олардың тийкары бǝрҳа беккем болсын. Күйеўим ҳеш қашан қаржы мǝселесинде қыйналыўдың орнына, Қудай Патшалығын излеп жүриўи, сонда булар оған қосымша етип берилиўи ушын дуўа етемен (Лука 12:31 — қа қараң). ##### СЕНИҢ ДУЎАҢДЫ ҲƎРЕКЕТКЕ КЕЛТИРИЎГЕ ЖƎРДЕМ БЕРЕТУҒЫН МУХАДДЕС КИТАПЛЫҚ АЯТЛАР Сонлықтан да, не ишип, не жейтуғыныңызды излеп, тǝшиўишленбеңлер. Себеби усылардың бǝрин бул дүньяның бутқа табыныўшылары излеп жүреди. Сизлердиң усыларға мүтǝж екениңизди Əкеңиз биледи. Оның орнына, Қудай Патшалығын излеп жүриңлер, сонда булар сизлерге;қосымша етип бериледи. (Лука 12:29-31) Ɵмириндеги күнлер оның есинде кɵп ўақыт болмайды, себеби Қудай оның қуўанышлы жүрегин жарылқайды. (Ўазшы 5:19) Жарлыға берген адам кем болмайды, кɵрип кɵрмегенликке алған адам болса нǝлетке ушырайды. (Сулайман. нақ. мақ. 27:28) Мен жас едим, енди қартайдым, бирақ ҳақыйқатшыл адамның таслап кетилгенин ямаса оның урпақларының нанға зар болғанын кɵрмедим. (Забур 36:25) Мениң Қудайым сизлердиң ҳǝр бир мүтǝжлигиңизди Масих Ийса арқалы Ɵзиниң салтанатлы байлығы менен қандырады. (Филип. 4:19) # 4-БАП ## ОНЫҢ ЖЫНЫСЫЙ ƟМИРИ Бул китапта еркеклердиң ɵмириниң баслы мǝселелери ҳаққында айтылады. Егер бизлер оларды ɵмиринде қызықтыратуғын тараўда бахытлы қыла алсақ ҳǝм олардың ɵмириниң басқа ǝҳмийетли тǝреплеринеде қарасақ, бизлер кɵп нǝрседе жеңиске ерисемиз. Ҳаяллар менен бирге жигирма жыл қаңыраған ҳǝм ɵли, бǝрҳа биринши болыўға гүреске толы ǝўметсиз неке ҳаққында дуўа еткенимизден кейин мен ҳаяллар ушын жыныслық қатнас онша ǝҳмийетли емес екенин кɵрдим. Олар некениң бул тǝрепи ҳаққында ҳеш ойламайды, — деп айтыў мүмкин емес. Тек олардың ɵмири кɵплеген басқа: балаларды тǝрбиялаў, жумыс, қаржы мǝселеси, үй жумыслары, шаршаў, аўырыў ҳǝм күйеўиң менен қарсыласыў сыяқлы кɵбирек дыққат аўдарыў керек болған машқалаларға толы болғанлықтан, олар ушын жынысый қатнасық ең ақырғы орында турады. Айырым ҳаяллар ҳǝптелеп, айлап, ал айырым ўақытлары жыллап күйеўлери менен анаў ямаса мынаў сылтаўлар менен жынысый қатнаста болмайды. Некеси бузылып атырғанда болса, олар қатты таң қалады. Ҳаялға жынысый ɵмирдиң бундай жағдайлары туўры келсе де, оның күйеўи ɵзин ɵмириниң бул ǝҳмийетли бɵлиминде хорланған сезеди. Ҳаял ушын жынысый қатнасық еркекке сүйиспеншилигин кɵрсетиў усылы болып табылады. Ол ɵзин қапа қылатуғын, ҳеш қолламайтуғын, кеўли қалған, ɵзин оның қасында тасланды ҳǝм жалғыз сезетуғын еркеклерге мүлǝйим бола алмайды. Бирақ, еркек ушын жынысый қатнасық жүдǝ керекли нǝрсе болып табылады. Егер ол жынысый қатнаста болмаса, оның кɵриўи ҳǝм еситиўи ҳǝлсирейди, ал ақылы ҳǝм сезимлери ɵзиниң күшин жойтады. Ол ɵз ҳаялын тыңлаўды тоқтатады. Егер ɵмириндеги бул ǝҳмийетли бɵлимге қарсылық кɵрсетилсе, ол ҳаялының сезимлерин түсиниўди тоқтатады. Ал, ҳаялларда болса ҳǝммеси керисинше. Олар басқа машқалаларымызды шешемен дегенше, жынысый қатнасық тоқтап турады, — деп ойлайды. Бирақ ҳақыйқатында, егер жынысый қатнаста болсаң, бул машқалаларды шешиў мүмкиншилиги артады. Соның ушын жынысый қатнасыққа некелик қатнасыңыздан айрықша орын белгилең. Бул ушын қолайлы шǝраяттың ямаса сенде қǝлеўдиң болыўының ǝҳмийети жоқ, ǝҳмийетлиси, егер сен жақсы қатнасты сақлап қалғың келсе, онда күйеўиңниң мүтǝжликлерин түсиндирип, оларды қанаатландырыўың керек. Еркеклерди ɵмирдиң бул бɵлегинде пǝске таслаў, қуралсызландырыў, ɵзин пайдасыз сезиндириў жүдǝ жеңил, себеби олар жынысый қатнастан басқа ҳеш жерде ɵзлерин толық раўажланған сезе алмайды. Еркек пенен ҳаялдың бул ҳаққында Қудайдың кɵз-қарасын түсинетуғынының себеби, жынысый қатнасының жүдǝ тǝнлигинде. Бирақ, Мухаддес Китап бул ҳаққында анық былай айтады: «Себеби ҳаялдың денеси үстинен ҳаялдың ɵзи емес, ал күйеўи бийлик етеди. Сол сыяқлы, ер адамның денеси үстинен де ер адамның ɵзи емес, ал ҳаялы бийлик етеди. Ерли-зайыпылылық ўазыйпасын орынлаўда бир-бириңизден бас тартпаңлар. Тек ɵз ара келискеннен соң, ɵзлериңизди дуўа етиўге толық бағышлаў ушын ғана ўақытша бɵлек болыңлар. Ɵзиңизди тыя алмағаныңыздан шайтан пайдаланып, сизлерди азғырмаўы ушын, кейин жǝне бирге болыңлар» (Коринф. 1-хат 7:4-5). Ерли-зайыптың арасындағы жынысый қатнас-бул Қудайдың пикири болып табылады. Күнделикли жынысый қатнастан қашыўдың кереги жоқ. Тек ораза, дуўа етиў ҳǝм аўырған ўақытта бул нǝрсе болмаўы мүмкин. Некеде бизлердиң денемиз ɵзимизге тийисли емес. Бизлер бир-биримизге денелик дыққат аўдарыўымыз керек. Жынысый қатнастың жийи болыўы жеке ɵзлеримиздиң емес, ал басқа адамның мүтǝж болғанына байланыслы. Егер сениң жынысый қатнасқа кɵз-қарасың ɵзиңниң мүтǝжлигиң ҳǝм қǝлеўиң менен шекленген болса, онда сен бул сораўда Қудайдың тутқан орнын түсинбейсең. Ол бизлердиң денемиз басқа адамға қуўаныш алып келиўи кереклигин айтады. Тǝбиятта еркеклер жынысый қатнасқа мүтǝж қылып жаратылған ҳǝм ол үйленген ўақтында ҳаял оны қанаатландырыўы керек. Егер бундай болмаса, қарым-қатнаста кɵп нǝрсе жоқ болады. Бизлер ҳǝр қандай қǝўипли азғырылыўлар алдында ҳǝлсиз боламыз. Бундай жағдай ҳǝр биримиздиң ɵмиримизде жүз бериўи мүмкин, сонлықтан некелик ɵмириңиздеги ҳǝм күйеўиңниң ɵмириндеги жыныслық қатнас дуўаға мүтǝж. Жақсысы, машқала пайда болмастан алдын дуўа еткен жақсы. Егер күйеўиң сениң қǝлегениңнен де кɵбирек жынысый қатнаста болғысы келсе, бул қатнаста ɵзгериўиң ушын Қудайға дуўа ет. Ɵзимниң тǝжирийбемнен мен, ерли-зайплылардың арасында ең аўыр машқала олардың балаларының еле кишкене ҳǝм кɵп итибарға мүтǝж болған ўақтында пайда болатуғынын билемен. Оларды тɵсекке жатқарып, сен шаршағаныңнан тек уйқы ҳаққында ǝрман етесең, ал күйеўиңниң болса бул түнге басқа жобалары болады. Сен оның ҳǝрекетлерин кейинге қалдырып, былай айтыўың мүмкин: «Буны умыт. Мен шаршадым» ямаса оған ɵзиңниң аўҳалыңды айтсаң, ол ɵзи былай жуўап бериўи мүмкин: «Машқала жоқ. Демиңди ал». Бирақ мен санап ɵтилгенлерден жақсырақ тɵртинши вариантты таптым. Қара, ол саған керек болмай ма? Күйеўиң саған қǝлеўлерин айтып баслаған ўақытта, басқа жаққа қарама ҳǝм суўық демиңди алма, ал оның орнына былай деп айт: «Яқшы, маған он бес (жигирма ямаса оннан кɵп) минут бер». Усы ўақыт даўамында сулыўырақ кɵриниўге ҳǝрекет ет, мысалы, моншаға түс ямаса денеге ийисли лосьонды сүрт ямаса оның жақсы кɵретуғын ǝтир суўын сеп (бундай ǝтирди жынысый қатнас ўақты ушын арнап алып қой), шашыңды тара, азғантай бояныў да кесент етпейди. Ол сени теңсиз деп кɵретуғын ишки кийимди кийип ал ҳǝм кемшиликлериң ушын қǝўетерленбе, себеби ол буған дыққат аўдармайды. Кемшиликлериңди жасырыў ушын сулыў пеньюар кийиўиң мүмкин. Соның менен бирге, Қудай саған күш бериўи ҳǝм күйеўиңниң жүрегин саған қаратыўы ушын дуўа ет. Ол сени кɵргенде таң қалады ҳǝм бийкарға күтпегенин биледи. Сен ɵзиңниң қандай жақсы жолдас болыўың мүмкин екенин кɵрип таң қаласаң, кейин екеўиңиз де бахытлы ҳалда уйқыға кетесиз. Бул азғана пайдаланған ўақтыңыз некеңиз ушын үлкен жақсылыққа айналыўы мүмкин. Бирақ, ҳаялы күйеўи тǝрепинен қарсылық кɵрген ўақтында керисинше болыўы мүмкин. Буның себеби оның ҳаялына денелик, ақыл ямаса сезимлер жобасында қызығыўшылығын жойтқанында. Бирақ, егер еркек айлап жынысый қатнаста болмаў уқыбына ийе болса, онда оның машқаласы бар, ямаса ол денелик шаршаўдан, ǝўметсизлик, кеўил қалыў ямаса кейпияты түскенинен қыйналып атыр. Бул жерде дуўа жǝрдем бериўи мүмкин, ол машқаланы ашып кɵрсетеди ҳǝм оның шешимине жол кɵрсетеди. Керек болған жағдайда тǝжирийбели жǝрдемге мүрǝжǝт етиўиңиз мүмкин. Бул ажырасып ҳǝм оның нǝтийжесинде жоқ болған ден саўлықты ҳǝм бузылған психиканы тиклеўге қарағанда аңсатырақ ҳǝм арзан. Бундай аўырыўлар бǝрҳа некениң бузылыўына алып келеди. Ашыў ҳǝм ɵкиништиң сени бийлеп алыўына жол қойма. Бǝрҳа саў ҳǝм сулыў кɵриниўге тырыс. Егер ɵзиңниң ямаса денеңниң ғамын ойлаў саған қуўаныш алып келмесе, онда буны күйеўиң ушын исле. Оның жақсы кɵретуғын ишки кийимин кий, шашыңды ɵзгерт ҳǝм оны жаңа кɵринисиң менен таң қалдыр. Барлық ўақытта таза ҳǝм қызықлы бол. Бир сɵз бенен айтқанда, ҳǝрекетсиз қалма. Некедеги жынысый қатнасқа қарсы болыўдың нǝтийжеси жаман болады. Буны есиңде тут. Календарға дыққат аўдар ҳǝм денелик қатнасыңызда узақ үзилиске жол қоймаң. Егер узақ үзилис барысы созылса, Қудайдан буның себебин кɵрсетиўин ҳǝм жағдайды ɵзгертиўин соран. Мынаны есиңде тут: жынысый қатнастың таза болыўы ушын дуўа етиўге ҳеш ўақыт кеш болмайды. Ɵткен ɵмириңде қандай жағдай болмасын, енди буның ǝҳмийети жоқ. Айырым ўақытлары еркеклердиң некеге шекемги жынысый қатнасы машқала туўдырыўы мүмкин. Буны еслемеўиң ушын дуўа ет. Сизлердиң жүрегиңиз ҳақыйқат ушын ашылса, сизлер тазаланасыз. Буның ҳǝммеси дуўадан басланады. Қудайдың бул сыйын ҳǝм ɵмириңниң бул бɵлеги ушын дуўа етиўди қалдырма. #### ДУЎА Қудайым, күйеўимниң жынысый қатнасын жарылқа ҳǝм оны жаңа ɵмирге толтыр. Бузылған нǝрсени тикле ҳǝм теңликке мүтǝж болған нǝрсени теңлестир. Бизлерди кеўил қалыў, бир-бирине кеўли толмаў, кек сақлаў ҳǝм бийпǝрўалықтан қорға. Бир-биримиз ушын ўақыт табыўға, жүректен сɵйлесиўге ҳǝм бир-биримиздиң мүтǝжлигимизге итибарлы болыўымызға жǝрдем бер. Бизлердиң жынысый қатнасымыз денеде де, ойымызда да таза болсын ҳǝм ҳеш қандай жаман қǝлеўлер бизлерди азғырмасын. Бизлерди некемизден алдын ɵмиримизде болған қǝтелеримиздиң жүгинен азат ет. Ɵмиримизден ҳǝр қандай азғырылыўларды, неке ҳадаллығын бузыўды алып тасла. Ҳǝр биримизге «Қудайдың ерки-сизлердиң мухаддес болыўыңыздан ибарат. Яғный, Ол сизлердиң жынысый бузықшылықтан аўлақ жүриўиңизди, ҳǝр бириңиздиң ɵз денесин қǝдирлеп, мухаддес қылып сақлаўына» жǝрдем бер (Салоника. 1-х 4:3-4). Мен басқа адамды емес, ал тек бир-биримизди қǝлеўимиз ушын дуўа етемен. Сулыў ҳǝм сүйикли болыўды, шеттен қанаатланыў излемеўи ушын күйеўиме қалай унаўды үйрет. Күйеўиме хызмет етиўдеги ǝҳмийетли тǝреплериниң бири жынысый қатнас екенин билемен. Буны ɵзимниң жеке мақсетлерим ушын пайдаланбаўыма жǝрдем бер. Қудайым, мен ɵмиримиздиң бул бɵлегин Саған исенип тапсыраман. Онда бǝрҳа жаңарыў ҳǝм ɵмир ҳүкимдарлық сүрсин. Оны Ɵзиңе унайтуғындай етип исле. ##### СЕНИҢ ДУЎАҢДЫ ҲƎРЕКЕТКЕ КЕЛТИРИЎГЕ ЖƎРДЕМ БЕРЕТУҒЫН МУХАДДЕС КИТАПЛЫҚ АЯТЛАР Бузықшылықтан аўлақ болыңлар! Адамның ислейтуғын басқа барлық гүналары денесиниң сыртында исленеди. Ал бузықшылық ислеген адам ɵз денесине қарсы гүна ислейди. Денеңиздиң ɵзлериңиз Қудайдан алған ҳǝм сизлерде жасап атырған Мухаддес Руўхтың ибадатханасы екенлигин билмейсизлер ме? Сизлер ɵзиңизге тийисли емессиз. Ɵйткени Қудай бийбаҳа тɵлем тɵлеп, сизлерди сатып алды. Сонлықтан да, ɵз денеңиз бенен Қудайды алғыслаңлар. (Коринф. 1-х 6:18-20) «Аўқат қарын ушын, ал қарын аўқат ушын жаратылған», — дейсизлер. Деген менен, Қудай екеўин де жоқ қылады. Бирақ, дене бузықшылық ушын емес, ал Ийемиз ушын жаратылған. Ийемиз де денемизге ғамхорлық қылады. (Коринф. 1-х 6:13) Ɵзиңниң суў сақлағышыңдағы қудықтан суў ише бер. Булақларың сыртқа, кɵшеге ақпасын; Оны жат адамлар менен бɵлиспе, ол тек ɵзиңдики болсын. Булағыңның суўлары жарылқанған болсын; кɵз ашып кɵргениң менен бирге қуўан. Əжайып суўын ҳǝм сулыў кийик, оның кɵкирегинде сени қанаатландырсын, бǝрҳа оның сүйиспеншилиги менен қанаатлан. (Сулайман. нақ. мақ. 5:15-19) # 5-БАП ## ОНЫҢ ЖАҒЫМЛЫЛЫҒЫ Күйеўи тǝрептен ɵзине деген жылыўы жоқ екени ҳаққында оның менен сɵйлесиўди шешкенинде, Том менен Пэттидиң турмыс қурғанына бир неше жыл болған еди. Том ҳǝмме нǝрседе ҳǝм жынысый қатнаста ǝжайып күйеў еди, бирақ қалғанларында жылыў да, жағымлылық та жоқ еди. Том ҳаялын жақсы кɵрмейтуғын еди деп айтыў мүмкин емес, керисинше ол ҳаялын жүдǝ жақсы кɵретуғын еди. Буның себеби, ол кишкене ўақтында аймалаўдан бос қалғаны еди. Пэтти ɵзин айыплы сезетуғын еди ҳǝм күйеўин қапа қылғысы келмеди, себеби ɵзи де кишкене ўақтында жылыў ҳǝм жағымлылық не екенин билмейтуғын еди. Бул олардың некесинде жүдǝ ǝҳмийетли еди. Пэтти күйеўине усының себебинен қарсылық кɵрсеткенинде, ол ɵзин дүзетиўге ҳǝрекет ететуғын еди, бирақ тез арада ҳǝммеси ɵз орнына қайтатуғын ҳǝм екеўин де қатты қапа қылатуғын еди. Ақыр-ақыбет ол үмитин жойтты ҳǝм руўҳында бослықты сезе баслады. Ол жылыў ҳǝм аймалаўсыз кейин қалай жасайтуғынын кɵз алдына келтире алмады, бирақ, онда Томды ɵзгертиўге ҳеш қандай үмит қалмады. Ақырында, бул аўырыўды кɵтериўге басқа күши қалмаған Пэтти, ɵзиниң машқаласы ҳаққында дуўа етиў топарына айтты ҳǝм ол ушын дуўа етиўин илтимас етти. Топардағы сиңлилер ҳǝр ҳǝпте дуўа етти ҳǝм Пэтти Қудайдың Руўҳының ɵзиниң ɵмирине киргенин сезе баслады. Ол оған жақсы аўқатланыў ҳǝм дене шынығыўы менен шуғылланыў кереклигин кɵрсетти. Қудайдың кɵрсетпелерине қулақ асып ҳǝм оның изинен ерип, ол ɵзин жақсы сезди ҳǝм күйеўи тǝрептен аймаланыўға ылайықлы екенин түсине баслады. Ол ɵзиниң қǝлеўи ушын айыпкершилик сезиминен қутылыўы керек еди, себеби Қудай оннан соны қǝлейтуғын еди. Тез арада Пэтти Том менен жаңадан сɵйлесиўи кереклигине Қудай оятып атырғанын сезди, бирақ бул сапары ҳǝммеси Мухаддес Руўҳтың басқарыўы менен жүз бериўи керек еди, себеби ол дослары менен Томның ɵзгериўи ушын дуўа еткен еди. «Бундай сɵйлесиў ушын мен ɵзимдеги бар күшимди жǝрдемге шақырыўыма туўра келди. Ҳǝммеси ажырасыў менен тамам болады, себеби жағдайды ɵзгертиў мүмкин емес деп қорққан едим. Бирақ, кейин Қудай маған сол ўақытта керек болған сүйиспеншилик сɵзин айтты ҳǝм бул сɵйлесиў бизлердиң некемиздиң ɵзгериўиниң ǝжайып басламасы болды, — деп кейинирек айтып берди ол». «Пэтти маған: — Əзийзим, сендей мен сүйетуғын ҳǝм исенетуғын ǝжайып адам қалай ɵзиниң барлық жетискенликлери менен бундай суўық болып қала алады? — деп айтқанында ɵзгерис жүз берди, — деп еследи Том». «Мениң сɵзлерим оны жигерлендирди, оған үмит берди ҳǝм жǝне талпынып кɵриўимизге исендирди, — деп айтты Пэтти». Бул сапары Том басқаша жол тутты. Ол ɵзиниң машқаласын еркеклер дуўа етиў топарына айтты. Олар оны тек күнделикли дуўасы менен қоллап қоймастан, күнде Пэттиге жыллылық кɵрсетиўи кереклигин еслетип турыўды шешти. «Мен буған разы болдым, себеби мен ɵзгергим келетуғын еди. Мен Пэттиди жақсы кɵремен ҳǝм оған аўыр болыўын қǝлемеймен. Мен ɵзгериўди қǝледим ҳǝм буның тек Мухаддес Руўҳтың басқарыўында мүмкин екенин билдим», — дейди Том. Күнде дуўа етиў топарынан ким болса да Томға қоңыраў қылатуғын ҳǝм: «Бүгин сен Пэттидиң ғамхорлығыңды сезиўи ушын не иследиң?» — деп сорайтуғын еди. Олар тағы да қалай жағымлылықты кɵрсетиў кереклигин мǝслǝҳǝт ететуғын еди ҳǝм ўақты-ўақты менен Пэттиден «Қǝне, мениң жумысларым қалай кетип атыр?» — деп сораўын мǝслǝҳǝт етти. Мухаддес Руўҳтың қатнасыўысыз бул нǝрсе жалықтыратуғындай кɵринетуғын еди, бирақ Том Қудайға ɵзин толығы менен бағышлағанлықтан, онда ҳеш қандай қарсылық болмады. «Енди, ол үйге келиўден биринши болып мени қушақлап, сүйеди». Том ҳǝм Пэттидиң машқаласындай машқала кɵп ушырасады. Кɵплеген адамлар, Қудайға садық адамлар да жылыў ҳǝм жағымлылық жоқ ɵли некеде жасайды. Бирақ, кɵпшилик ҳаяллар бул жағдайға кɵнеди ҳǝм арыз етпейди, себеби күйеўи оларды басқа барлық нǝрседе қанаатландырады. Бирақ Қудай некелик қатнасқа бундай қарамайды. «Ер адам ɵз ҳаялына деген, ҳаял да ɵз күйеўине деген ерли-зайыплылық ўазыйпасын орынласын» (Коринф. 1-х 7:3). «Қушақлаў ўақты бар», — дейди Мухаддес Китап (Ўазшы 3:5 — қа қараң). Бул ўақыт сен некели болғаныңда болады. Жағымлылық кɵрсетиў еркеклер ушын биринши орында емес, себеби олар жынысый қатнас пенен жағымлылықты бирдей деп түсинеди. Ал, ҳаяллар болса күйеўиниң ғамхорлығына қатты мүтǝж. Егер сениң некеңде бул болмаса, Мухаддес Руўх сизлердиң некелик қатнасыңызды раўажландырыўы ушын дуўа ет. #### ДУЎА Қудайым, мен күйеўим екеўимиздиң қатнасымыз арасында бǝрҳа жыллылық болыўы ушын дуўа етемен. Бизлерге гүман, ериншекликтен қутылыўға ҳǝм бир-биримизге сүйиспеншилигимизди ашық кɵрсетиўге үйрениўимизде жǝрдем бер. Бир-биримизди қалай сүйетуғынымызды ҳǝм баҳалайтуғынымызды кɵрсетиўди үйрет. Күнде бизлерде жағымлы ҳǝм мүлǝйим жақынласыўлар болсын. Бизлерге суўықлықтан, бийпǝрўалықтан қутылыўға жǝрдем бер. Бир-биримизге жыллылық, сүйиспеншилик бериўге үйрет. Бизлердиң ɵзгериўимизге ҳǝм руўҳый ɵсиўимизге кесент ететуғын нǝрселерди жоқ қыл. Егер екеўимизден биреўимиз жағымлырақ болсақ, арамызда теңлик орнат. Егер бизлердиң қатнасымыздағы бийпǝрўалық балаларымызға кери тǝсир еткен ҳǝм олардың неке ҳаққындағы кɵз-қарасын жаман тǝрепке ɵзгерткен болса, бизлерге ҳǝммесин дүзетиўге ҳǝм олар ушын жақсы үлги болыўға жǝрдем бер. Қǝтелеримизди батырлық пенен мойнымызға алып, ɵмирге деген қǝлеўлеримизди ɵзгертиўге үйрет. Алапасырлылық ҳǝм ўақыттың жоқлығы бир-биримизге деген қызығыўшылықты жоқ ететуғын себеп болмасын. Бир-биримизге мүлǝйимлилик кɵрсетиў ҳеш қашан бизлер ушын аўырманлық болмасын. Сүйиспеншиликти кɵрсетиўдиң бундай усылы некемизди беккемлеўи ушын жǝрдем бер. Мен бǝрҳа «Бир-бириңизди сүйиспеншилик пенен сүйип, сǝлемлесиңлер. Масихқа тийисли болған сизлердиң ҳǝммеңизге тынышлық яр болсын!» (Петрдиң 1-х 5:14 — қа қараң) деп дуўа етемен. Мен тек Мухаддес Руўҳтың күши ɵмир бойы туратуғын ɵзгеристи ислей алатуғынын билемен. Мен ҳǝммесин Саған исенип тапсыраман ҳǝм Сеннен Ɵзиңниң қǝлегениңдей ерли-зайып болыўымызға жǝрдем бериўиңди сорайман. ##### СЕНИҢ ДУЎАҢДЫ ҲƎРЕКЕТКЕ КЕЛТИРИЎГЕ ЖƎРДЕМ БЕРЕТУҒЫН МУХАДДЕС КИТАПЛЫҚ АЯТЛАР Егер сизлерде Масихтан келген жигер, сүйиспеншиликтен пайда болған жубаныш, Мухаддес Руўх пенен қарым-қатнас, мийримлилик ҳǝм реҳимлилик бар болса, онда бир пикир ҳǝм сүйиспеншилик пенен, бир руўх ҳǝм мақсет пенен бирлесип, мениң қуўанышымды толы қылың. (Филип. 2:1-2) Сол сыяқлы, күйеўлер де ҳаялларын ɵз денесин сүйгендей сүйиўи шǝрт. Ɵз ҳаялын сүйген, ɵзин сүйген болады. Ҳеш ким, ҳеш қашан ɵз денесин жек кɵрмеген. Керисинше, Масих исениўшилер жǝмǝǝтине ғамхор болғаны сыяқлы, адам ɵз денесин азықландырып, оны күтеди. (Ефес. 5:28-29) Тек ɵзиңиздиң ғана емес, ал басқалардың да пайдасын гɵзлеңлер. (Филип. 2:4) Оның шеп қолы менен басымның астында, ал оң қолы мени қушақлап атыр. (Қосықлар қосығы 2:6) Ҳǝр бир адам ɵзиниң емес, ал басқалардың пайдасын гɵзлесин. (Коринф. 1-х 10:24) # 6-БАП ## ОНЫҢ АЗҒЫРЫЛЫЎЫ Неке қурған биринши күнимизден баслап-ақ, мен Қудайдан Майкл ҳǝм ɵзимди мүмкин болған азғырылыўлардан сақлаўын сорадым. Бизлер бир-биримизге гүманланатуғындай себеп бермедик, бǝлким бул дуўаларымның ямаса ɵзимизди тазалықта сақлағанымыздың нǝтийжеси болыўы мүмкин. Бǝрибир мен бунда адамның ҳǝрекетине қарағанда, Қудайдың қолы кɵп жǝрдем бергенине исенемен, бирақ екеўи де ǝҳмийетке ийе. Мен ɵмирлеринде азғырылыўға түскен бир неше ерли-зайыплыларды билемен, бирақ ҳаялының дуўа етиўди ҳǝм күйеўиниң ɵзгериўи ҳǝм некеси сақланып қалыўы ушын Қудайға жүрегин ашыўды қǝлеўи менен бул неке елеге дейин тири. Бундай кǝраматлар дуўа етиўде Мухаддес Руўхтың күши менен исленеди. Досларымның бириниң күйеўи ажыраспастан алдын бир неше рет ҳаялының кɵзине шɵп салды, ол ҳǝр сапары ҳаялының жақын досларының бири менен болатуғын еди. Мен оның «досларды» таңлағанда неге итибар беретуғынына қызықтым, бирақ Қудайға қаншама дǝрежеде жүреги садық ҳǝм қаншама дǝрежеде дуўаға кеўил аўдаратуғынын сорамадым. Мухаддес Руўхтың даўысын еситиўди қǝлемеген жүрек қанша дуўа етсе де ɵзгермейди. Азғырылыў ҳǝзирги күнде ҳǝмме жерде бар ҳǝм күйеўимиздиң ана я мына азғырылыўдан қорғаныўы бар деп ойлаў ақмақлық. Мухаддес Китапта былай делинген: «…адамның кɵзлери тоймайды» (Сулайман. нақ. мақ. 27:20). Егер бул ырас болса, онда азғырылыў мүмкиншилиги бǝрҳа ҳақыйқат ҳǝм бизлер бǝрҳа сергек болыўымыз керек. Биреўлер ишимликтен, наркотиктен, басқалары болса ақша ҳǝм бийликтен, үшиншилери ашкɵзликтен ямаса жаман сүўретлерге ҳǝўескерликтен азғырылады. Душпан бизлердиң ең ҳǝлсиз жерлеримизди биледи ҳǝм бизлерге қапқан қояды. Гǝп бизлердиң жолымызда азғырылыўдың болыўында емес, ал бизлердиң азғырылыўға түсиўимизде. Мен бундай жағдайларда дуўа етиўди мǝслǝҳǝт етемен. Бǝлким, дуўа адамды ислеўге бетленген нǝрсесинен қорғамаўы мүмкин, бирақ ол азғырыўшының даўысын пǝсейтиўи мүмкин ҳǝм оның ҳүжимине қарсылығыңды күшейтеди. Ол адамға дурыс таңлаў жолын кɵрсетиўи мүмкин. Мухаддес Китап мынаны айтады: Қудай бизди азғырмайды, ал қǝлеўлеримиз бизди азғырады. Айырым ўақытлары олар бизлерди гүнаға алып барады ҳǝм ақырында набыт етеди. Бирақ, «сынаўға шыдаған адам бахытлы! Ɵйткени ол сынаўдан ɵткеннен соң, Қудайдан Ɵзин сүйетуғынларға ўǝде еткен ɵмир тажын алады» (Яқып 1:12). Бизлердиң сынақлардан ɵткенимиз Қудайға унайды, себеби Ол бизлерди тазалағысы келеди. Бирақ, Ол Ɵзиниң жолын таңлаўымызда қанша дǝрежеде Оған исенетуғынымызды билгиси келеди. Егер бизлер шын жүректен Оның жолларын излесек ҳǝм Оннан жǝрдем сорасақ, Ол бизлерге бǝрҳа жолды кɵрсетеди. Машқала пайда болмастан алдын, дуўа етип баслаў керек. Ийса Ɵзиниң шǝкиртлерине «азғырылмаўы ушын» дуўа етиўди (Лука 22:40 — қа қараң) ҳǝм бǝрҳа итибарлы болыўды буйырды, себеби «руўх сергек, ал дене ҳǝлсиз» (Марк 14:38). Егер сениң күйеўиң азғырылыў дǝўириндеги гүресте қыйналып атырған болса, оның дуўа етиўде ҳақыйқый дослары табылыў ҳǝм ол оның менен ҳǝмме нǝрсе ҳаққында ашық сɵйлесе алыўы ушын дуўа ет. Қудайдың ҳǝм басқа исениўшилердиң алдында азғырылыўыңды шын жүректен мойынласаң, онда оның күши азаяды. Тилекке қарсы, кɵплеген еркеклер ɵзлериниң азғырылыўы ҳаққында ашық айтпайды ҳǝм соның менен олардан қорғаныўға да қарсылық етеди. Егер барлық дуўларыңнан кейин де күйеўиң азғырылыўға түссе, оны айыплама, себеби шешимди ол қабыллады. Ол таңлады ҳǝм Руўхтың емес, ал денениң қǝлеўи менен кетти. «Жǝне айтажағым мынаў: Мухаддес Руўхқа бойсынып жасаңлар! Сонда, ɵз тǝбиятыңыздың жаман қǝлеўлерине ҳеш қашан бойсынбайсызлар. Ɵйткени адам тǝбиятының жаман қǝлеўлери Мухаддес Руўхқа, Мухаддес Руўх адам тǝбиятының жаман қǝлеўлерине қарсы. Олар бир-бирине қарсы болғанлықтан, сизлер ислеўди қǝлеген нǝрселериңизди ислей алмайсызлар» (Галат 5:16-17). Күйеўиң ушын дуўа етиўди тоқтатпа. Күйеўиң неше рет азғырылыўға түссе де, Қудайдың оны қутқаратуғынын бил, ал ɵзиң Қудайдың ерки менен қутқарылыў жолын табыўында жǝрдем бере аласаң. Егер сениң некең бундай ҳүжимнен азат болса, онда Қудайға миннетдаршылық билдир ҳǝм ҳеш нǝрсе ɵзгермеўи ушын дуўа ет. #### ДУЎА Қудайым, Сеннен күйеўим жолында ушыратыўы мүмкин болған азғырылыўға қарсы турыўы ушын оған күш бериўиңди сорайман. Оның жүрегине жетип бармастан ҳǝм оны ислеместен бурын, керек емес ойлардан оны азат ет. Оны азғырылыўға түсирме, бирақ оны неке ҳадаллығын бузыў, жаман сүўретлер, наркотик, ишимлик, ашкɵзлик, қумар ойынлар сыяқлы жаўызлықтан сақла. Ең баслысы, оны (анық азғырылыўдың аты) сақла. Ол қай жерде руўхый ҳǝлсиз болса, сол жерин беккемле. Ɵмирде барлық қыйыншылықлардан ɵтиўине күш бер. Ол былай айтатуғын болсын: «Қолланбайтуғын нǝрсемди кɵз алдыма келтирмеймен; бузықлардың ислеринен жеркенемен, бундай нǝрсе ҳеш қашан маған жабыспайды» (Забур 100:3). Əкежан, Сен: «Ɵзин тута алмайтуғын адам, дийўалсыз ўайран қалаға уқсайды» (Сулайман. нақ. мақ. 25:28), — деп айтқансаң ғо. Мен оның (күйеўиңниң аты) жаўызлыққа берилмеўи ҳǝм Сениң күшиң оны қорғаўы ушын сорайман. Оның ǝтирапында қорғаныў дийўалын орнат. Оны Мухаддес Руўхқа толтыр ҳǝм оннан Саған тийисли емес нǝрселерди алып тасла. Оны ɵзиниң руўхын басқарыўға ҳǝм азғырылыўларға қарсы турыўға үйрет. Ол «сүйиспеншилиги ҳақыйқый болып, аманлықтан қашып, жақсылыққа жабысып алсын» (Рим. 12:9 — қа қараң). Оны денениң емес, ал Руўхтың қǝлеўин ислеўге үйрет. ##### СЕНИҢ ДУЎАҢДЫ ҲƎРЕКЕТКЕ КЕЛТИРИЎГЕ ЖƎРДЕМ БЕРЕТУҒЫН МУХАДДЕС КИТАПЛЫҚ АЯТЛАР Азғырылыўға түскенде, ҳеш ким: «Мен Қудай тǝрепинен азғырылып атырман» демесин. Себеби Қудай жаманлық пенен азғырыла алмайды ҳǝм Оның Ɵзи де ҳеш кимди азғырмайды. Бирақ, ҳǝр ким ɵзиниң жаман қǝлеўлерине берилип, алданып азғырылады. Кейин сол қǝлеў ҳǝмледар болып, гүнаны туўады. Ал гүна жетилисип, ɵлимди туўады. (Яқып 1:13-15) Сизлердиң басыңызға ҳǝмме адамлардың басына түсетуғын сынақлардан басқа сынақлар түскен жоқ. Қудай садық, Ол күшиңизден артық сынақларға түсиўиңизге жол қоймайды. Сынақларға шыдаўыңыз ушын, Ол сынақлар менен биргеликте олардан шығыў жолын да береди. (Коринф. 1-х 10:13) Айшы-ǝширетке ҳǝм мǝскүнемликке, ҳарамылыққа ҳǝм бузықшылыққа, жǝнжел ҳǝм күншилликке берилмейик. Күндизге жарасатуғын ǝдепли ɵмир сүрейик. Ийемиз Ийса Масихтың сизлерди басқарыўына жол қойыңлар ҳǝм гүнакар тǝбиятыңыздың жаман қǝлеўлерине бойсынбаңлар. (Рим 13:13-14) Ал, байымақшы болғанлар азғырылыўға ушырайды. Олар адамларды бǝлеге жолықтырып набыт қылатуғын кɵп мǝниссиз ҳǝм зыянлы ҳǝўеслердиң дузағына илинеди. (Тимофей. 1-х 6:9) Адамның гүнакар тǝбиятының ислери аян, олар: неке ҳадаллығын бузыў, ҳарамылық, бузықшылық, бутпаразлық, сыйқыршылық, душпанлық, жǝнжелкешлик, күншиллик, ғǝзеп, менменлик, алаўызлық туўдырыў, бɵлиниў, қызғаншақлық, мǝскүнемлик, айшы-ǝширет ҳǝм усыларға уқсаған нǝрселер. Сизлерди алдын ескерткенимдей, жǝне ескертип атырман: усындай ис-ҳǝрекетти ислеўшилер Қудайдың Патшалығын мийрас етип алмайды. (Галат. 5:19-21) # 7-БАП ## ОНЫҢ ГҮМАНЛАРЫ Алдын мен күйеўимниң ойының гүңгирт екенин оның музыкалық талантының ɵзгешеликлери менен түсиндиретуғын едим. Бундай артистлик минез қандай екенин билесиз бе? Бул бир тǝрептен жарық ҳǝм нур шашып турады, ал екинши тǝрептен қайғылы ҳǝм шаршағанлық. Кейпияты тɵмен болған ўақтында, ол: «ҳеш нǝрсеге ерисе алмайман, жумысымды орынлаўға уқыбым жоқ» деген ойларға бериледи. Бундай ойлаўға ҳақыйқый себеплер жоқ, бирақ бундай ойлар ǝўметке ерискен ўақытларында да, онда пайда болатуғын еди. Мен оның пикирине қосылып, тǝбиятынан келип шыққан ҳалда «Оның болып болғаны» — деп ойлаўымның қǝте екенин, бирден түсинбедим. Бирақ, мен, Майкл ɵзиниң гүманлары менен гүресиўде жалғыз болмаўы керек екенин түсиндим. Егер ол мениң менен бир пүтинниң ɵзи болатуғын болса, онда мен ҳǝр қандай қарсылықлар болғанда оның қасында болып, «Күйеўимниң ɵмиринде Қудай сɵйлеп атырған жоқ, ал бул душпанның даўысы. Мен ол душпанның күйеўимниң ойында ɵлимге алып келетуғын ойынлар ойнап атырғанына қарап тура алмайман» деп айтыўым мүмкин еди. Мен «шайтанның ҳийлелерине қарсы тура алыў ушын» (Ефес. 6:11 — қа қараң), ɵзимниң тǝжирийбемди қолланыўды уйғардым. Не болса да, Мухаддес Китап бизлерге «...тилек ҳǝм жалбарыныў менен дуўа етип, усы мақсет пенен сергек болып ҳǝм барлық мухаддеслер ушын табан тиреп сораўымыз ушын» дуўа етиўди буйырады. Ҳақыйқаттан да, «барлық мухаддеслер» — дегенде адамлар топарын түсиниў керек, ал олардың минез-қулқын емес. Ол мениң күйеўим сол адамлар топарына киреди. Бир неше ай дуўа еткенимнен кейин мен дуўаларымның нǝтийжесине таң қалдым. Мен Майклдың ойларын басқарыўын кɵрип қоймастан, сондай-ақ душпанның жобалары ǝмелге аспастан алдын дуўаның оларға қандай етип тǝсир ететуғынын бақлап бардым. Күйеўим мениң дуўаларымның жуўабын қанша кɵп кɵрген сайын, ол сонша дǝрежеде ойларын толтырған ɵтириктиң келип шығыўын түсине баслады ҳǝм оларға исениўди азайтып баслады. Жǝҳǝнге лекцияларым менен саяхат етип, мен түрли жǝмǝǝттеги ҳаяллар менен кɵп сɵйлестим ҳǝм бул машқаланың қанша дǝрежеде белгили екенин кɵрип, таң қалдым. Ақырында, мен Қудайдың еркеклер ушын таярлап қойғанын бузыўға талпынып атырған душпаны бар екенин түсиндим. Ҳаялларға да сол душпан топылыс жасайды, бирақ айырым жағдайларда еркеклер ҳǝлсизирек болып келеди. Ең күшли еркек те күшсиз қалыўы, машқалалардан шыға алмай қалыўы, қапаланыўы ямаса Қудайдан оны алыслататуғын қақпанға түсиўи мүмкин. Ол шайтанның ɵмириндеги қыйыншылықларды жеңе алмайсаң деген қақпанын бǝрҳама кɵрип билмейди. Оның басында мынадай ойлар бар еди: «үмитсизлик», «ҳǝммеси жаман», «бул апат», «мүмкин емес», «ҳǝммеси тамам» ҳǝм «ҳǝрекет етип не қыламан?». Ҳаял күйеўиниң ɵтириктен расты айырып билиўи ушын дуўа ете алады ҳǝм бул сɵзлердиң орнына басқа мына сɵзлерди: «үмит», «раўажланыў», «мүмкиншилик», «ǝўмет» ҳǝм «жаңа баслаў» сыяқлы сɵзлерди еситиўи мүмкин ҳǝм олардың Қудайдан екенин биледи. Қудайдың сɵзи ҳǝм Қудайға алғыс-мине бул күйеўиңниң мийине шабыўыл жасайтуғын шайтанның ɵтириклерине қарсы шығатуғын күшли еки қурал. «Қудайдың сɵзи тири ҳǝм тǝсирли. Ол еки жүзли қылыштан да ɵткир болып, жан менен руўхты, буўын менен сүйеклерди бɵлетуғын дǝрежеде суғылып киреди: ол жүректеги ой ҳǝм нийетлерди ǝшкара қылады» (Еврей 4:12.). Сен Қудайдың сɵзин айтқаныңда, надурыс пикирлерди кɵре баслайсаң. Егер сениң күйеўиң буны ɵзлигинен ислей алмайтуғын болса, ол бар ўақытта Қудайдың сɵзин айтыўың ямаса ɵзиң менен жалғыз дуўа еткениңде айтыўың мүмкин ҳǝм сен буннан жақсы нǝтийжени кɵресең. Мен бир неше рет усылай иследим ҳǝм күйеўим ɵзинде болған ɵзгерислерди гуўалық етиўи мүмкин. Мен бǝрҳа Майклға «Ɵйткени Қудай бизлерге қорқақлық руўхын емес, ал күш, сүйиспеншилик ҳǝм салдамлылық руўхын берди» еслетип тураман (Тимофей. 2-х 1:7) (Русша Синодал Мухаддес Китабында: «…күш ҳǝм сүйиспеншилик ҳǝм салдамлылық». — *Аўдар. белг.). Мен оған ҳеш қашан оны дурыс пикирлеўди таслап кетпеўи ушын дуўа ететуғынымды айтаман. Ең беккем қурал Қудайды алғыслаў болып табылады. Бизлер Қудайды алғыслаған ўақтымызда, Оның менен бирге боламыз ҳǝм Оның бирге болғанынан бизлер шыпа табамыз ҳǝм бизлердиң ɵмиримиз ɵзгереди. «Олар Қудайды билсе де, Оны Қудай деп уллыламады ҳǝм Оған шүкирлик билдирмеди. Керисинше, олардың ой-қыяллары бос болып, ақылсыз кеўиллерин қараңғылық қаплады» (Рим 1:21). Егер сен күйеўиңниң мийи жаман ойларға толмаўын қǝлесең, онда күйеўиңниң ден саўлығы, ойының таза болғаны ушын Қудайға алғыс айт ҳǝм сонда ол ɵзиниң ҳǝлсизлигин анық кɵриўи мүмкин. Жаман кейпият, қайғы, ашыў, қорқыныш, жалғызлық, азғырылыў алдында ҳǝлсизлик, жаўызлық ҳǝм түрли аўырыўлар, буның бǝри басымызда туўылады. Егер сен ойларыңды басқара алмасаң, олар сени басқарыўы мүмкин. Соның ушын Қудай бизлерге барлық ойларымызды ҳақыйқат деп түсинбеўимиз керек екенин үйретеди. «Бойсынбаған қайсар халқыма Мен күни-түни қолымды жайып отырман» (Ийшая 65:2). Қудай Ɵзиниң ойларын, бизлер «Масихтың ақыл-ойына» ийе болыўымыз ушын бизлердики болыўын қǝлейди (Коринф 1-х 2:16 — қа қараң). Келиң, күйеўимиз Масихтың ақылына ийе болыўы ушын ҳǝм ҳǝр бир ойы Қудайға бойсыныўда болыўы ушын дуўа етейик. Арамызда ким буған мүтǝж емес? #### ДУЎА Қудайым, күйеўимниң ойын қорғаўың ушын саған дуўа етемен. Оны шайтанның ɵтиригинен қорға, Сениң даўысыңды басқалардан айырып билиўди үйрет ҳǝм Сен ўǝсият еткениңдей, ɵзиниң ойларын саған қаратсын. Оны Сениң сɵзиңди ҳǝм ҳақыйқатыңды күтетуғындай, надурыс пикирлерди айырып билетуғындай етип ɵзгерт. Ɵтирикке қарсы турыўға жǝрдем бер. Оған Масихтың ақылына ийе екенин еслетип тур. Егер душпан күйеўимди уялдыратуғын болса, мен күйеўимниң ойын тазарта алатуғын Мухаддес Руўхтың күши менен душпанды қуўаман. Қудайым, Сен маған «…душпанның барлық күшин жеңетуғындай» бийлик бергенсең (Лука 10:19 — қа қараң). Усы бийликтиң жǝрдеминде мен күйеўимдеги барлық ɵтирикши руўхлардың жоқ болыўына буйрық беремен. Мен оған Қудайдың күйеўиме (оның аты) ɵзиниң ɵмирин жақсы кɵретуғындай ақыл бергенин айтаман. Оны ҳеш қашан гүналы, жаман ойлар уялдырмасын. Оған ɵмиринде Сениң еркиң менен болып атырған жақсылықларды гуўалық ететуғындай ақыл бер (Рим 12:2 — қа қараң). «…Оның қүдиретиниң күши менен беккемленип барыўына» жǝрдем бер (Ефес. 6:10 — қа қараң). Ҳǝр қандай ақыл ойдан зыят болған Қудайдың тынышлығы Масих Ийса арқалы кеўиллеримизди ҳǝм ой-пикирлеримизди қорғаўы ушын ҳеш нǝрседен тǝшўиш шекпеўге, ҳǝмме нǝрсе ушын Саған дуўа етип ҳǝм жалбарынып, ҳǝр бир тилегимизди Саған шүкирлик пенен билдириўимизге жǝрдем бер. (Филип. 4:6-7). Жуўмақлап айтқанда, тек нелердиң ҳақыйқый, нелердиң ҳақ, нелердиң пǝк, нелердиң унамлы, нелердиң мақтаўға турарлы, жǝне де, нениң жақсы ҳǝм нениң алғысқа ылайықлы екенин терең ойлаўға жǝрдем бер (Филип 4:8 — қа қараң). ##### СЕНИҢ ДУЎАҢДЫ ҲƎРЕКЕТКЕ КЕЛТИРИЎГЕ ЖƎРДЕМ БЕРЕТУҒЫН МУХАДДЕС КИТАПЛЫҚ АЯТЛАР Бизлер дүньяда жасап атырған болсақ та, дүньяның жолы менен  урыспаймыз. Бизлердиң урысымыздың дүньяға тийисли қураллар емес, ал душпанның беккем қорғанларын қыйрататуғын Қудайдың қүдиретине ийе болған қураллар. Сол қураллар менен сандырақ сɵзлерди ҳǝм Қудайды билиўге тосқынлық қылатуғын ҳǝр қандай менменликти жоқ қыламыз, Масихқа бойсынбайтуғын ҳǝр бир ой-пикирди Масихқа тутқын етип бойсындырамыз. (Коринф 2-х 10:3-5) Гүнакар тǝбият басқаратуғын ой-пикирлер ɵлимге, ал Мухаддес Руўх басқаратуғын ой-пикирлер ɵмирге ҳǝм тынышлыққа еристиреди. (Рим 8:6) Бирақ денемниң мүшелеринде басқа бир нызамды байқайман. Ол мениң сана-сезимимниң нызамына қарсы урысып, мени денемниң мүшелериндеги гүна нызамына тутқын етеди. (Рим 7:23) Ийемиз Ийса Масих арқалы тек жалғыз Қудай ғана қутқарады! Қудайға шүкирлер болсын! Солай етип, мен ɵз сана-сезимим менен Қудайдың Нызамына, ал гүнакар тǝбиятым менен гүнаның нызамына хызмет етип атырман. (Рим 7:25) Ийең болған Қудайыңды пүткил жүрегиң, пүткил жаның, пүткил ақыл-ойың ҳǝм пүткил күшиң менен сүй. (Марк 12:13) # 8-БАП ## ОНЫҢ ҚОРҚЫНЫШЛАРЫ Бул дүньяда кɵп нǝрсе бизлерге қорқыныш алып келеди ҳǝм буған тек ақмақ ғана қарсы шығыўы мүмкин. Бирақ, қорқыныш бизлерди бийлеп алған ўақытта, бизлер оның тутқыны боламыз. Кɵбинесе қорқыныштың олжасы еркеклер болады, себеби оларды мынаған уқсас сораўлар жийи қыйнайды: «Егер тосаттан…?»; «Тосаттан мен жетерли дǝрежеде ақша ислей алмасам не?»; «ал, егер ҳаялым ҳǝм балаларыма бир нǝрсе болса не?»; «ал, егер мен қорқынышлы аўырыў менен аўырсам не?»; «ал, егер бизнесим жүриспесе не?»; «ал, егер мен жақсы ǝке бола алмасам не?»; «ал, егер мен майып болып қалсам ямаса шаңарағымды баға алмай қалсам не?»; «ал, тосаттан биреў маған қǝўип туўдырса не?»; «ал, егер мен апатқа ушырасам не?»; «мен ɵлип қалсам не болады?». Қорқыныш адамды бийлеп алыўы (Забур 47:7 — қа қараң) ҳǝм оны набыт қылыўы мүмкин (Забур 77:33 — қа қараң). Егер адамның «зǝрреси ушса» (Лука 8:37 — қа қараң), ол Қудай менен қатнасын жоғалтады ҳǝм Оның еркин түсиниўди тоқтатады. Некелик ɵмиримиздиң екинши жылында мен, Майкл, пасторымыз Джек Хейфорд ҳǝм оның ҳаялы Анна ҳǝм ибадатханамыздың ағзаларының кишкене топары менен бирге Италия, Греция ҳǝм Израилге сапарға шықтық. Майкл бǝрҳа унамаса да, саяхатқа шығатуғын еди ҳǝм бизлер Грецияға жеткен ўақтымызда ол кейпияты түскен аўҳалда еди. Бир күни кеште, бир неше шаршататуғын күннен кейин, ол былай деди: — Мен басқа шыдай алмайман. Мен бул жерде басқа қала алмайман. — Сен неден қорқасаң? — деп сорадым мен. — Егер мен тез арада үйге қайтпасам, мениң ɵмирим қулайтуғындай. Жүдǝ кеш болыўына қарамастан, мен пастор Джекке қоңыраў қылып, азанда кетиўимизди хабарладым. Бǝлким, ол тɵсекте жатырған шығар, бирақ ол былай деди: — Мен ҳǝзир сизлердикине бараман. Ол келген ўақытта, Майкл оған ҳǝммесин ашық айтты. Пастор Джек оны қушақлады ҳǝм Аспандағы Əкениң оны қандай сүйиспеншилик пенен сүйетуғынын айта баслады. — Қудай сени Ɵзиниң баласындай қабыллады. Сен қүдиретли ҳǝм сүйиспеншиликли Əке менен бирге болған ўақтыңда, ҳеш нǝрседен қорқыўдың кереги жоқ, — деп айтты ол. Бул аспандағы сүйиспеншиликти сезиўи ушын пастор Джек Майкл ушын дуўа етти. Майкл ушын Мухаддес Руўхтың бул ҳǝрекети үлкен ашылыс болды. Соның жǝрдеминде ол ɵзиниң қорқынышлары менен гүресе алды ҳǝм топар менен бирге саяхаттың ақырына дейин қалды. Сондай болғаны да жақсы болды. Себеби, мен Ерусалимде ҳǝмледар болдым ҳǝм тоғыз айдан кейин балам Кристофер туўылды. Бул пастор Джектиң туўылған күнинде жүз берди. Егер қорқыныштың бизлерди бийлеўине жол қоймасақ, бизлер менен ǝжайып нǝрселер жүз бериўи мүмкин. Анық машқала ушын дуўа етиўге мǝжбүрлейтуғын қорқынышлы ойлардың түрлери ҳǝм сениң еркиңди қозғалтпай таслайтуғын қорқыныш сезимлери кɵп. Əлбетте, сен күйеўиңниң жүреги Мухаддес Руўхқа толыўын қǝлейсең, бирақ оны қорқыныш руўхы бийлеп алғанда, сен араласпай тура алмайсаң. «Бирақ кимнен қорқыў керек екенин айтайын: ɵлтирилгеннен кейин, дозаққа таслаўға қүдирети күшли Қудайдан қорқыңлар. Аўа, сизлерге айтатуғыным: Оннан қорқыңлар» (Лука 12:5). Бизлер ийе болыўымыз мүмкин болған жалғыз қорқыныш-бул Қудайдың алдында қорқыў болып табылады. Егер сен Қудайдан қорқсаң, Қудай саған душпанларыңнан азат етиўди (Патшалық ҳаққында 4-китап 17:39 — қа қараң), жаўызлықтан қорғаўды (Сулайман. нақ. мақ. 16:6 — қа қараң), Ɵзиниң кɵзин сениң үстинде услаўды (Сулайман. нақ. мақ. 32:18 — қа қараң), саған Ɵзиниң мийрим-шǝпǝǝтин бериўине (Лука 1:50 — қа қараң), саған байлық ҳǝм даңқ бериўди (Сулайман. нақ. мақ. 22:4 — қа қараң), ɵмириңди керек нǝрселер менен тǝмийинлеўди (Забур 33:10 — қа қараң), саған Ɵзиниң ўǝсиятын ашыўды (Забур 24:14 — қа қараң), балаларың ҳǝм ақлықларыңды жарылқаўды (Забур 102:17 — қа қараң), саған беккем исенимди бериўди (Сулайман. нақ. мақ. 14:26 — қа қараң), ɵмириңди тǝшўишсиз етиўине (Сулайман. нақ. мақ. 19:23 — қа қараң), саған узақ ɵмир тилеўди (Сулайман. нақ. мақ. 10:27 — қа қараң) ҳǝм сениң жүрегиңниң қǝлеўлерин қанаатландырыўды (Забур 144:19 — қа қараң) ўǝде етеди. Буннан басқа нени қǝлеўимиз мүмкин? Қудайдың қорғаўшы ҳǝм минсиз сүйиспеншилиги күйеўиңди қоршаўы ҳǝм қорқыныштан азат етиўи ушын дуўа ет. #### ДУЎА Қудайым, Сен Ɵз сɵзиңде «сүйиспеншиликте қорқыў жоқ. Керисинше, минсиз сүйиспеншилик қорқыўды қуўып шығарады. Себеби қорқыў жаза менен байланыслы болады. Қорқатуғын адам сүйиспеншиликте минсизликке ериспеген» (Юхан 1-х 4:18), — деп айтқан едиң. Ҳеш қандай қорқыныш күйеўимди бийлеп алмаўы ушын күйеўим Сениң сүйиспеншилигиңде ɵсиўи ушын жǝрдем бер. Сен оған қорқақлық руўхын емес, ал күш, сүйиспеншилик ҳǝм салдамлылық руўхын бергениңди билемен (Тимофей. 2-х 1:7 — қа қараң). Мени қорқыныш басқармаўын Ийса Масихтың аты менен сорайман. Қандай жағдай болыўына қарамай Сениң сүйиспеншилигиң оннан кетпейтуғынлығын түсиниўине жǝрдем бер. Саған сүйиспеншилиги ҳеш қашан алдамайтуғын, қүдиретине ҳеш нǝрсе жетпейтуғын ҳǝм Оның менен бирге болғанда ҳеш нǝрседен қорқыўдың кереги жоқ болған Əке сыпатында қарап, жǝрдем бериўиңди ɵтинип сорайман. Оны қорқыныш сезиминен азат ет ҳǝм оны басқа, Қудайдан қорқыў сезими менен толтыр (Еремия 32:40 — қа қараң). Қудайым оны Ɵзиңниң жолыңа сал. Оған «Сениң ҳақыйқатыңда жүриўине» жǝрдем бер. Оның жүрегин «Сениң атыңнан қорқыўын» тастыйықла (Забур 85:11 — қа қараң). Адамлар алдында қорқынышы жоқ болыўы ушын ҳǝм: «Сонлықтан бизлер батырлық пенен былай деймиз: „Жаратқан Ийем маған жǝрдем береди, мен қорқпайман. Адам маған не ислей алады?“» — деп айта алыўы ушын сорайман (Еврей 13:6). «Ɵзиңнен қорққанлар ушын таярлап қойған жақсылығың кɵп…» (Забур 30:20 — қа қараң). Мен оған (күйеўиңниң аты) былай айтаман: «Беккем тур, қорқпа; мине Қудайың, кек алыўға келеди; Ол келип, сени қутқарады» (Ийшая 35:4). «Сен ҳақыйқатлықта тастыйықланасаң ҳǝм азаптан алыста боласаң, себеби сениң қорқатуғын нǝрсең жоқ ҳǝм қорқыныш та саған жақынламайды» (Ийшая 54:14). «Түнде қараңғылықтың қорқынышынан, күндиз душпанның оқларынан қорқпайсаң, сескенбейсең түнги аўырыўлардан ҳǝм тал түсте басыңа түскен апаттан» (Забур 90:5-6). «Жаратқан Ийениң Руўхы қонып, саған даналық пенен парасат, ақыл-кеңес пенен қүдирет, бийлик пенен Қудайды терең қǝстерлеўди үйретеди. Сен Жаратқан Ийеңе бойсынып, Оны терең қǝстерлеўден қуўаныш табасаң» (Ийшая 11:2-3). ##### СЕНИҢ ДУЎАҢДЫ ҲƎРЕКЕТКЕ КЕЛТИРИЎГЕ ЖƎРДЕМ БЕРЕТУҒЫН МУХАДДЕС КИТАПЛЫҚ АЯТЛАР Қудайдың периштеси мɵминлердиң ǝтирапында қорған қурған, оннан қорққанларды Ɵзи азат етеди. (Забур 33:8) Қудайыма мүрǝжат еткенимде, Ол маған қулақ салды ҳǝм барлық қǝўиплеримнен қутқарды. (Забур 33:5) Ɵлим ойпатлығынан қараңғылықта жүрсем де, жаўызлықтан қорқпайман. Себеби, Сен мениң менен биргесең, Сениң хаса таяғың маған жубаныш береди. (Забур 22:4) Қорқпа, себеби Мен сениң менен биргемен, уялма, Мен сениң Қудайыңман! Саған күш-қуўат берип кɵмеклесемен, жеңимпаз қолым менен сүйеймен. (Ийшая 41:10) Қудайым-мениң нурым ҳǝм қутқарылыўым: кимнен мен қорқаман? Қудайым-ɵмиримниң қорғаны: кимнен қǝўетерленемен? (Забур 26:1) # 9-БАП ## ОНЫҢ МАҚСЕТЛЕРИ Бизлердиң ҳǝр биримизде түрли мақсетлер бар. Тек сол ушын ғана бизлер жасап атырмыз. Бул бизлердиң хызметимиз ҳǝм ўазыйпамыз. Бизлер Қудайды алғыслаў ҳǝм Оның еркин орынлаў ушын жасап атырмыз. Буны ɵзлеримиздиң ɵмиримизде раўажландырыў ҳǝр биримиздиң жеке жумысымыз болып табылады. Сениң күйеўиң не ушын жасап атырғанын, ɵмири тосаттан емес екенлигин билиўи шǝрт. Ол белгиленген мақсетке жаралғанына исениўи керек. Егер ол ɵзиниң ўазыйпасын түсинсе, неге шақырылған болса, соны ислеўди ҳǝм ким болыўы керек болса, сондай болыўға ҳǝрекет етеди. Сол ўақытта, ол ɵмирдиң толық таўсылмас булағын табады. Бул сени де бахытлы етеди. Мен 25 жыллық некемниң барысында ең баслы ҳақыйқаттың бирине, яғный, күйеўиме ҳеш қандай үстемлик етпей, тек дуўа етиўим керек екенлигине үйрендим. Қудайдың Ɵзиниң еркине сай етип күйеўин ɵзгертиўи ушын ол тек дуўа ете алады. Ал, күйеўиниң усындай болыўы тек оның разы болып, жүрегин Қудайға ашып, аспаннан ɵзине қаратылған сɵзлерди еситиўине ҳǝм оның «Ҳǝмме нǝрсени Ɵз қǝлеўи менен иске асыратуғын қудайдың ерки бойынша бизлер алдын ала белгиленип, Масих арқалы таңлап алындық» (Ефес 1:11) деген сɵзлерди тыңлаўына байланыслы. Сен күйеўиң ушын Қудайдың бул шақырығын еситип, барлық ислерин Қудайдың нийетине сай ислеўи ушын дуўа етиўге шақырылғансаң. Адамның Қудайдың ўǝсиятлары менен жасамайтуғыны бǝрҳа оның қǝўетерленгенинен кɵринип турады. Егер қасыңызда ɵз ўазыйпасын, хызметин орынлап атырған адам болса, онда сиз ол адамда исин терең түсиниўди, ишки исенимди, беккемликти кɵресиз. Ал, сизиң күйеўиңиз қалай жасап атыр? Оның ɵмирде мақсетсиз жүргени сизди тǝшўишке сала ма? Егер усылай болса, былай дуўа етиң: «Қудайым, мениң күйеўимди бул аўҳалдан алып шық. Ɵзиңниң мақсетиңди ашып, жаңа келешегин кɵрсет». Бул дуўа арқалы күйеўиңниң аўҳалы бирден ɵзгереди деп ўǝде ете алмаймыз. Бирақ, кɵбинесе олардың талпынысы ɵзгериўи де мүмкин. Мениң Дэвид деген достым бар. Ол кɵп жыллардан бери самолет соғатуғын заводта ислейди. Қудайдың даўысын еситип, ол кем тǝмийинленген шаңарақта жасайтуғын жас ɵспиримлерге жǝрдем бериўге Қудайдың шақырғанын билди. Ол сондай-ақ, ɵзиниң жумысын таслап кетиўи керек екенин түсинди. Оның алатуғын айлығы шаңарағын бағыўға жететуғын еди. Жаңа исти баслаў ушын ол ўақыттың аз қалғанын кɵрди. Дэвид бундай шаңарақларға азық-аўқат бериўди, кем тǝмийинленген жас ɵспиримлерге атап концерт бағдарламасын кɵрсетиўди, қутқарылмағанларды масихый хызметке шақырыўды шɵлкемлестирди. Ол бул урыс-қағысларға толы болған қалада тынышлық орнатыў ушын мүмкин болған ҳǝмме нǝрсени иследи. Бул жүдǝ қыйын жумыс, бирақ ол оның ɵмирин мǝниске толтырады. Ол не ушын жасап атырғанын биледи, буны оның қасында болғанда сезбеў мүмкин емес. Сыртынан бул ең ǝпиўайы адам, бирақ ол руўхый күшли ҳǝм оның менен Мухаддес Руўхтың күши бирге. Дэвидтиң ҳаялы Присцилла, оның қандай хызметке шақырылғанын биледи ҳǝм оған қолынан келгенше жǝрдем береди. Қудай күйеўиң ушын қандай шақырық таярлап қойған болса да, сениң ɵмириңниң мǝнисин Ол күйеўиңди қоллаўыңда, дуўа етиў арқалы болса да жумысларында қатнасыўыңда, жигерлендириў сɵзлерин айтыўыңда ямаса басқа усылларда кɵреди. Айырым ҳаяллар бул жǝрдемди үйин қолайлы жайластырыў, балаларын тǝрбиялаў ҳǝм бǝрҳа күйеўи ушын дуўа етиўде кɵреди. Басқа ҳаяллар болса күйеўиниң бизнесинде шериги ямаса жǝрдемшиси болыўы мүмкин. Қандай жағдай болса да, Қудай ɵзиңниң жекелигиңди кɵрсетиўиңде мүмкиншилик береди. Қудай күйеўиңниң шақырылған хызметине қарсы болмай, жǝрдем бериўиң ушын, оның ислеринде саған анық орын белгилейди. Қудай тǝртипсизликтиң, шатасыўдың, урыс-қағыстың, сизлерге унамайтуғын жағдайдың жаратыўшысы болыўы мүмкин емес. Ол минсиз ўақыт белгисиниң Қудайы. Сизлердиң хызметиңиз тек Қудайдың белгиленген ўақтында басланыўы мүмкин. Егер күйеўиң Қудайдың қойған мақсетине қарай баратырған болса ҳǝм келешегин еле кɵз алдына келтирмеген болса, душпан оның ойына гүманланыў туқымын таслаўына исениўиң мүмкин. Сениң дуўаларың оған гүманның тутқынынан қутылыўға, Қудайды тыңлаўға жǝрдем бериўи ҳǝм Қудайдың жолында қатты турыўға үйретиўи мүмкин. Олар оның ɵмирин мақсетине қараған жол қылады. #### ДУЎА Қудайым, ол (күйеўиңниң аты) Сениң шақырыўыңды еситиўи ушын дуўа етип сорайман. Масихта ким болса, ɵмиринде сондай болыўына жǝрдем бер ҳǝм оған ɵмириниң уллы мақсетин кɵрсет. Қудайдың шақырығынан пайда болған үмитти ҳǝм Оның исениўшилерге берген уллы мийрасының қаншелли бай екенини билиўиңиз ушын, жүреклериңиздиң кɵзлери ашылсын деп, дуўа етип атырман (Ефес 1:18 — қа қараң). Қудайым, Сен бизлерди шақырған ўақтыңда, бизлерге күш бересең. Оны неге шақырған болсаң, соған ылайықлы жасаўына ҳǝм Қудайдың адамы болыўға үйрет. Оған бул шақырықты бǝрҳа еслетип тур ҳǝм басқа нǝрселерге қызығып, Сениң қойған мақсетиңнен ўаз кешиўине жол қойма. Гүманларын жоқ қыл. Оның кɵзлери жағдайдың үстинен қарасын ҳǝм Сен оны не ушын жаратқаныңды кɵрсин. Сениң белгилеген ўақтыңды күтиўге сабырлық бер. Оның жүрегиниң қǝлеўлери Сениң еркиңе туўры келиўи ушын дуўа етемен. Ол бǝрҳа Сениң басқарыўыңды излесин ҳǝм ол Сениң ҳǝр бир сɵзиңди жақсы қабыл етсин. ##### СЕНИҢ ДУЎАҢДЫ ҲƎРЕКЕТКЕ КЕЛТИРИЎГЕ ЖƎРДЕМ БЕРЕТУҒЫН МУХАДДЕС КИТАПЛЫҚ АЯТЛАР Барлық адамлардың мен сыяқлы жалғыз жасаўын қǝлеймен. Бирақ, ҳǝр бир адамның Қудайдан алған сыйы бар: биреўлер хожалық болып некеде жасайды, екиншилер некесиз жалғыз жасайды. (Коринф 1-х 7:7) Ҳǝр бир адам Ийемиздиң ол ушын белгилеген жағдайына бойсынып, Қудай оны қандай жағдайда шақырған болса, сондай болып қалсын. Буны барлық исениўши жǝмǝǝтлерге буйыраман. (Коринф. 1-х 7:17) Сонлықтан, сизлер ушын бǝрҳǝ дуўа етип атырмыз: Қудайымыз сизлерди Ɵзи шақырған ɵмирге ылайықлы қылсын, ҳǝр түрли жақсы арзыў-ǝрманыңызды ҳǝм исенимге тийкарланған ҳǝр бир исиңизди Ɵз қүдирети менен ǝмелге асырсын. (Салон. 2-х 1:11) Ийемиз Ийса Масихтың Қудайы, даңқ-салтанатқа ийе Əке Ɵзин билиўиңиз ушын, сизлерге даналық ҳǝм аян бериўши Мухаддес Руўхын берсин деп Қудайдан сорап атырман. Қудайдың шақырғанынан пайда болған үмитти ҳǝм Оның мухаддеслерге берген уллы мийрасының қаншелли бай екенин билиўиңиз ушын, жүреклериңиздиң кɵзи ашылсын деп, дуўа етип атырман. Жǝне де, Ийсаға исенген бизлерде үлкен қүдирет пенен ҳǝрекет еткен Қудайдың күшиниң қаншелли уллы екенин сизлер билсин деп те, дуўа етип атырман. (Ефес. 1:17-19) Саған кеўлиң тилегенин берсин, пүткил ǝрманларыңды ǝмелге асырсын. (Забур 19:5) # 10-БАП ## ОНЫҢ ШЕШИМЛЕРИ Бир күни күйеўим шǝртнама дүзди ҳǝм бул ҳаққында маған ҳеш нǝрсе айтпады. Мен ҳǝммесин ис жүрисип кеткеннен кейин билдим. Соннан бери мен тынышлығымды жойтқан едим. Пикир ҳақыйқаттан да ǝжайып ҳǝм Майклдың ɵзи де ǝжайып болыўына қарамастан, мен қǝўетерлениў сезиминен қутыла алмадым. Мен қаншелли дуўа етсем, бул сезим менде соншелли күшейе баслады. Мен бул ҳаққында күйеўиме айтқанымда, ол маған тек: «Мениң дурыс шешим қабыллай алатуғыныма сен исенбейсең бе?» — деп айтты. Ол исин даўам етиўин ҳǝм ким болыўына қарамастан кесент етпеўин қǝлейтуғынын айтты. Мен тек дуўа етиўим мүмкин еди. Қайта-қайта мен Қудайға: «Мениң қай жерде қǝтелескенимди кɵрсет. Мен Майклдың жумыслары жақсы болыўын қǝлеймен. Бирақ, егер мениң сезимим алдамайтуғын болса, шǝртнама дүзиў барысын ўақтында тоқтата алыўы ушын Майклге неден алжасқанын кɵрсет. Оған ҳақыйқатлықты аш» деп айтатуғын едим. Азанғы он бирде, шǝртнамаға қол қойыўға азғана ўақыт қалғанында Майклдың кɵзи ашылды ҳǝм ол басқа тǝрептиң ҳақыйқый нийетин ашатуғын кɵплеген бɵлимлерди кɵрди. Қудайдың аяны оған ҳақыйқатлықты ашты ҳǝм шǝртнама дүзилген жоқ. Майклге қǝтесин мойынлаў қанша қыйын болса да, ол қыйыншылықтан шетлеп ɵткенине қуўанды. Бираз ўақыт ɵткеннен кейин, бул китап үстинде ислеп отырып, күйеўимнен мениң дуўаларымның тǝсирин сезген-сезбегенин сорадым. Биринши орында ол дуўаларымның дурыс шешим қабыллаўында жǝрдем бергенин айтты. Ол: «Шешим қабыллаў ҳǝм таңлаўым керек болған ўақытта, сениң дуўаларың мениң кɵзлеримди ашты ҳǝм мени кɵп қыйыншылықлар алып келиўи мүмкин болған гүманлы шǝртнама дүзиўден сақлады», — деп айтты. Бизлер барлық еркеклердиң ɵзлериниң ҳақлығына исенетуғынын есимизден шығармаўымыз керек: «Адамның кɵз алдында барлық жол туўры» (Сулайман. нақ. мақ. 21:2). Бирақ, егер бизлер ҳақыйқатты ɵтириктен ажыратып билиўди сорасақ, тек Қудай бизлерге даналық бере алады. Даналық ǝўмет алып келеди (Ўазшы 10:10 — қа қараң) ҳǝм басқалардың тǝжирийбесин дыққатқа алыўды үйретеди (Сулайман. нақ. мақ. 15:31 — қа қараң). Бизлер күйеўлеримизди дана етип кɵргимиз келеди. Даналықтың қарсыласы ақмақлық екени белгили. Мухаддес Китап ақмақ адамды «ɵзине исенетуғын» (Сулайман. нақ. мақ. 28:26 — қа қараң), «ақыллы сɵзлерди» жаман кɵретуғын (Сулайман. нақ. мақ. 23:9 — қа қараң), еситиўди қǝлемейтуғын, ал «ɵзиниң ақылын кɵрсететуғын» (Сулайман. нақ. мақ. 18:2 — қа қараң) етип кɵрсетеди. Басқа сɵз бенен айтқанда, оның менен сɵйлесиў қыйын, ол бǝрҳа урысқысы келеди (Сулайман. нақ. мақ. 20:3 — қа қараң); оны туўры жолға салыўға ҳǝрекет етсең, ол тек ашыўланады (Сулайман. нақ. мақ. 14:16 — қа қараң). Ақмақ адам ɵзиниң қылықларын анық салыстыра алмайды, сонлықтан дурыс шешим қабыллаўды билмейди. Егер сениң күйеўиң усындай болса, даналыққа ийе болыўы ушын дуўа ет. Егер күйеўиң тек айырым жағдайларда ақмақлық ететуғын болса, онда оны ǝшкаралаўға ҳǝрекет етпе. Мухаддес Китап былай дейди: «Даналықтың басланыўы — Қудайдан қорқыў ҳǝм Мухаддестиң кɵретуғыны-ақыл» (Забур 9:10). Бул неден баслаў керек екенин кɵрсетеди, яғный, алдын Қудай менен ойласыўы ушын күйеўиңниң жүрегинде Қудайдан қорқыў сезими жасаўы ушын дуўа ет. «Қудайсызлар кеңесине бармайтуғын адам бахытлы…» (Забур 1:1 — қа қараң). Егер сен күйеўиңниң дана болыўы ҳǝм надурыс шешим қабылласа да, Қудайды тыңлаўы ушын тынбай дуўа етсең, сениң жаның тынышлық табады, себеби сен ɵз миннетиңди орынладың ҳǝм Қудай ҳǝммесин жақсылыққа айналдыратуғынын билесең. Бизлердиң ɵмиримиз, кɵбинесе күйеўимиздиң қандай шешим қабыллағанына байланыслы. Келиң, дана болайық ҳǝм олардың қабыллаған шешими бǝрҳа дурыс болыўы ушын дуўа етейик. #### ДУЎА Қудайым, күйеўимниң жүрегин Қудайдан қорқыў сезими менен толтыр ҳǝм ҳǝр бир шешимди қабыллаўдан алдын оған даналық бер. Оның жүреги Саған қарасын ҳǝм ол Сениң ҳақыйқатыңа шɵллесин. Сениң ўǝсиятларыңа тийкарланып, шешим қабыллаўына ҳǝм Сениң еркиңе сай таңлаўына үйрет ҳǝм оны ақмақлық қылықлардан сақла. Ɵзиниң қǝтелерин кɵрип, олардан алыс жүриўи ушын оған даналық бер. Ɵзиниң қылықларының нǝтийжесин кɵриўи ушын кɵзлерин аш. Мен күйеўимниң ҳақыйқатшыл адамларды тыңлаўы ҳǝм үйрениўге, ɵзгериўге таяр болыўы ушын сорайман. Ол ҳеш қашан наданлардың сɵзлерин еситпесин, ал тек ғана Сениң үйретиўлериңди қǝдирлесин. Мен «адамның жүрегинде нийетлер кɵп, бирақ Қудайдың белгилеўи менен орынланатуғынын» (Сулайман. нақ. мақ. 19:21) билемен. Оны түсинде де үйрет (Забур 15:7 — қа қараң) ҳǝм азанда денениң қǝлеўине ермей, ҳақыйқат жолында жүриўине үйрет. Қудайым Сениң кɵз алдыңда «бул дүньяның даналығы ақылсызлық» (Коринф. 1-х 3:19) екенин билемен. Ол ҳеш қашан азғырылыўға түспесин ҳǝм кɵзлери де тек Саған қараған болсын, ал қулақлары болса Сени тыңлаўға бǝрҳа ашық болсын. ##### СЕНИҢ ДУЎАҢДЫ ҲƎРЕКЕТКЕ КЕЛТИРИЎГЕ ЖƎРДЕМ БЕРЕТУҒЫН МУХАДДЕС КИТАПЛЫҚ АЯТЛАР Дана адам тыңлап билимин асырсын, ақыллы болса мǝслǝҳǝт алсын. (Сулайман. нақ. мақ. 1:5) Ɵзиңниң кɵз алдыңда дана болма; Қудайдан қорқып, жаўызлықтан қаш. (Сулайман. нақ. мақ. 3:7) Даналықтың басланыўы-Қудайдан қорқыў; ақмақ адамлар даналықты ҳǝм үйретиўди жаман кɵреди. (Сулайман. нақ. мақ. 1:7) Олар Мени шақырады, бирақ Мен жуўап бермеймен. Олар Мени излейди, бирақ таба алмайды. Себеби олар билимди жаман кɵреди ҳǝм Ийемизден қорқыўды таңламады. Мǝслǝҳǝтлеримди ҳǝм нǝсиятларымды қабыл қылмады. (Сулайман. нақ. мақ. 1:28-30) Ақыл-нǝсият жолынан шыққан адамлар, ɵлилердиң арасына барады. (Сулайман. нақ. мақ. 21:16) # 11-БАП ## ОНЫҢ ДЕН САЎЛЫҒЫ Мениң күйеўим жыллар бойы ɵзиниң ден саўлығы менен қызыққан жоқ. Мен бул ҳаққында оның менен бир неше мǝрте сɵйлестим ҳǝм кɵплеген сɵйлесиўлерден кейин арнаўлы журналларды кɵринетуғын жерге қойып, жесир ҳаял болып қалыўды қǝлемейтуғынымды айтатуғын едим. Бирақ, булардың ҳǝммесиниң пайдасы жоқ еди, оның кɵзлери мени кɵрмейтуғын, қулақлары да мени еситпейтуғын еди. Бирақ, бир күни маған: егер дуўа ɵмирдиң басқа бɵлимлеринде жǝрдем берсе, ол бунда да жǝрдем бермейме екен? — деген ǝжайып пикир келди. Мен ɵзимниң үйренген «үндемеў ҳǝм дуўа етиў» усылымды ислеўди ҳǝм Қудайдан күнде дене шынығыўы менен шуғылланыўды қǝлеўин Майклдың жүрегине салыўын сораўды шештим. Дуўа бир неше ай нǝтийже бермеди, бирақ, бир күни азанда мен қоңсы бɵлмеден шыққан шаўқымды еситтим ҳǝм ол жерге қарап, таң қалғанымнан қатып қалдым. Мен ол жерде күйеўимниң тренажерда шуғылланып атырғанын кɵрдим. Сол ўақытта мен оған ҳеш нǝрсе айтпадым. Сол ўақыттан баслап, ҳǝптесине үш мǝрте ол тренажерда шуғылланып ҳǝм гантеллерди кɵтерип киятыр. Кейин ол ɵзин жақсырақ сезгенин билгенинде, алдын буны ислемегенине ɵкинетуғынын айтты. Сол ўақытта «Мен саған айттым - ғо» деген сɵз аўзымнан шығайын деп қалды, бирақ мен ўақтында ɵзимди услап қалдым. Ҳǝзирге дейин Майкл мениң дуўамның кǝрамат ислегенин билмейди. Күйеўдиң ден саўлығына, оның жасы ҳǝм денесиниң аўҳалына қарамастан бийпǝрўа қараўға болмайды. Ол ɵзине қараўы ушын ҳǝм аўырғанда шыпа табыўы ушын дуўа ет. Мен ɵзимниң ɵмиримде шыпа сорап, дуўа еткенимде кɵплеген жуўаплар алдым ҳǝм басқа кɵплеген адамлардың шыпа тапқанының гуўасы болдым. Мухаддес Китапта жазылғанындай Қудай кеше, бүгин ҳǝм ертең шыпалағаны бирдей екенине гүманланыўға себебим жоқ. Мен : «…Мен сени шыпалаўшы Қудайыңман» (Шығыў 15:26) деп айтқанда, Қудай дǝл усыны кɵзде тутқанына исенемен. Мен Еремияның «Шыпала мени Қудайым ҳǝм мен шыпа табаман» (Еремия 17:14 — қа қараң), деп айтқандағы исенимине қосыламан. Мен оның «…Мен сениң жараларыңды шыпалайман» (Еремия 30:17 — қа қараң), — деген сɵзине де исенемен. «Булар Ийшая пайғамбар арқалы айтылған мына сɵзлердиң орынланыўы ушын болды: „Ол ҳǝлсизлигимизди Ɵзине алды, аўырыўларымызды Ɵзине жүкледи“ (Матта 8:17); Ол шǝкиртлерине „түрли аўырыўларды ...емлеўге ҳуқық берди“» (Матта 10:1 — қа қараң). Ол «Исенгенлер менен мынадай кǝраматлы белгилер бирге болады: Мениң атым менен жинлерди қуўып шығарып, жаңа тиллерде сɵйлейди. Қоллары менен жыланларды услап алса да ҳǝм уўлы зат ишсе де, оларға зыян келмейди. Аўырыўлардың үстилерине қолларын қойғанда, олар шыпа табады», — деп айтты (Марк 16:17-18 — қа қараң). Қудай ҳǝмме ўақытта Ɵзиниң мийрими менен шыпалайды деп ойлайман. Шыпа табыўға кесент ететуғын жалғыз нǝрсе-бул бизлердиң гүманларымыз (Матта 9:22 — қа қараң). Күйеўим маған 80-жыллардың ақырында, шыпакерлер оған денесинде кейин зыян келтириўи мүмкин болған исик бар екенин айтқан ўақытлары, мениң дуўаларымның ҳǝрекетин сезгенин айтты. Биопсия ɵткерилген еди. Анализдиң нǝтийжесин күткен күнлер Майкл ушын аўыр сынақ еди, бирақ мениң дуўаларым, оның мойынлаўынша, тǝбийий исиктиң кейин зыяны жоқ екени тастыйықланаман дегенше, күш берип турғанын айтты. Бул исикти оннан алып таслады ҳǝм соннан бери бул машқала қайталанған жоқ. Бизлердиң дуўаларымызға ҳǝм исенимимизге қарамастан, шыпалаў ўақты Қудайдың еркинде екенин умытпаўымыз керек. «Емлеў ўақты» бар екени айтылған (Ўазшы 3:3). Егер сен дуўа етсең, бирақ ҳеш нǝрсе ɵзгермесе, ɵзиңди айыплама, себеби Қудай айырым ўақытлары Ɵзин тыңлаўымыз ушын дене аўырыўларын қолланады. Дуўа етиўди даўам ет ҳǝм ақырғы сɵзди айтыўға Қудайдың ҳуқықы бар екенин есиңде тут. Бизлер биреўдиң ɵмири қутқарылыўы ушын да, тап солай ислеймиз, себеби адамның жердеги ɵмирин белгилеп бериў бизлерге берилмеген. Мухаддес Китап «ɵлиў ўақты» (Ўазшы 3:2 — қа қараң) бар ҳǝм оның қашан келетуғынын бизлер емес, ал Қудай шешиўи керек екенлигин айтады. Бизлер тек буған кɵниўимиз керек. Бизлер дуўа етиўимиз мүмкин, бирақ Қудай шешим қабыллайды. Бизлер буны қарсылықсыз қабыллаўымыз керек. Күйеўиңниң ден саўлығы ушын дуўа ет ҳǝм истиң барысын шешиўде Қудайдың ҳуқықын мойынла. #### ДУЎА Қудайым, мен Сеннен ɵтинемен, Ɵзиңниң шыпалы қолларыңды оған (күйеўиңниң аты) тийгиз. Оның барлық ағзаларының саў болыўына жǝрдем бер. Бузылған нǝрселердиң ҳǝммесин тикле, оны түрли аўырыўлардан шыпалап, аяздан сақла. Ɵзиниң жумысын жақсы ислеўи ушын оның ден саўлығын беккемле. Азанда таза күшке толып ояныўы ушын оның уйқысын жақсыла. Оған ден саўлық ҳǝм беккем жүрек бер. Ол дурыс аўқатланып, күнде дене шынықтырыў менен шуғылланып, ɵзине зыян нǝрселерден қашыўы ушын жǝрдем бериўиңди сорайман. Денеси Қудайдың ибадатханасы екенин ҳǝм Ɵзиңниң Руўхың ишинде жасап атырғанын ҳақыйқаттан билиўи ушын жǝрдем бер (Коринф. 1-х 3:16 — қа қараң). Оның денесиниң Саған унайтуғындай, мухаддес ҳǝм тири қурбанлық болыўы ушын дуўа етип сорайман (Рим. 12:1 — қа қараң). Ол аўырған ўақтында оны қоллап, шыпалаўыңды сорайман. Оны Ɵзиңниң қуўанышыңа толтырып, күш бер. Мен айрықша (анық машқаланың аты) ушын дуўа етемен. Ол «Қудайым, Ийем мениң! мен Саған бардым ҳǝм Сен мени шыпаладың (Забур 29:3). Қудайым, Саған миннетдаршылық билдиремен, себеби Сен мени шыпаладың», — деп айта алатуғындай, исенимге ийе болсын. Мен күйеўимниң узақ ҳǝм саў ɵмир сүриўин сорайман ҳǝм ɵлиў ўақты келгенде, оның жүреги тынышлыққа толы болсын, ɵлими қыйыншылықсыз жеңил болсын. Рахмет Қудайым, оны Ɵзиңниң қасыңа алатуғының ушын бирақ, бул Сен белгилеген ўақытта болсын. ##### СЕНИҢ ДУЎАҢДЫ ҲƎРЕКЕТКЕ КЕЛТИРИЎГЕ ЖƎРДЕМ БЕРЕТУҒЫН МУХАДДЕС КИТАПЛЫҚ АЯТЛАР Маған кɵп жақсылық ислегенин умытпайман. Ол бар гүналарымды кеширип, дǝртлеримниң ҳǝммесин емледи. (Забур 102:2-3) Қыйыншылықларында Қудайға қайғырғанда, азапларынан Ол қутқарды. Сɵзин жиберип оларға шыпа берди, оларды түскен патшалығынан шығарып алды. (Забур 106:19-20) …Мен сениң дуўаңды еситтим ҳǝм кɵз жасларыңды кɵрдим. Мине, Мен сени шыпалайман... (Патшалар ҳаққында 4-китап 20:5) Сонда саған тосаттан таңғы шуғладай нур тɵгилип, тез шыпа табатуғын боласаң. Əдиллик алдынан баслап, Жаратқан Ийениң салтанатлы уллылығы сени артыңнан қорғап жүретуғын болады. (Ийшая 58:8) Мине, Мен оған пластырь ҳǝм шыпалы нǝрселер қояман ҳǝм оларды шыпалап, оларға дүнья ҳǝм ҳақыйқаттың ҳǝммесин ашаман. (Еремия 33:6) # 12-БАП ## ОНЫҢ ҚОРҒАНЫЎЫ Бизлер урыс ўақтында саўаш майданында үлкен қǝўип туўғанда ɵлимнен карамат пенен аман қалыўы, сол ўақытта үйинде ɵзлери ушын дуўа еткенлигин кейин аңлағанлығы ҳаққында айтқанлары ҳаққында кɵп еситтик. Бизлердиң күйеўимиз саўаш майданында күнде болады. Оларды ҳǝр тǝрептен қǝўип қоршап тур. Душпанның апаты аўырыў түринде қандай қапқан таярлағанын тек Қудай биледи. Оларда қǝўип зыян келтирмейтуғындай орын қалған жоқ, ҳǝтте үйлеримизде де қǝўип бар. Бирақ Қудай былай деди: «Гүнакар адам ǝдил адамды ɵлтириў ушын гүзетеди. Қудай олардың қолына ǝдил адамды тапсырмайды…» (Забур 36:32-33 — қа қараң). Ол «Ɵзинен үмитленгенлерге» қалқан болыўға ўǝде етеди» (Сулайман. нақ. мақ. 30:5 — қа қараң). Ол бизлердиң күйеўимиз ушын да қалқан бола алады, себеби бизлер олар ушын дуўа етемиз ҳǝм бизлердиң Қутқарыўшымыз болған Қудайға исенимимиз күшли. Машинада күйеўим ҳǝм балаларым кетип баратырғанда, мен бǝрҳа олардың қǝўипсизлиги ушын дуўа етемен. Бирақ, бир күни азанда, Майкл кишкене баламызды мектепке алып кеткеннен кейин үйде қоңыраў шалынды. Ол: «Бизлер апатқа ушырадық, бирақ бизлерге ҳеш нǝрсе болған жоқ», — деп хабарлады. Мен жақынларымды қорғағаны ушын Қудайға миннетдаршылық билдирип, апат жүз берген жерге кеттим. Сол жерге барып, мен машинаның кɵринисине қарап, анығырағы оннан не қалғанын кɵрип таң қалдым. Майклдың кишкене спорт машинасын үлкен жүк машинасы езип, жолдың шетиндеги бетонлы қорғанға ылақтырып таслаған еди. Оны ремонтлаў мүмкин емес еди. Буны кейин қамсызландырыў кǝрханасы да тастыйықлады. Мен бундай қорқынышлы апаттан Майкл ҳǝм баламды тек Қудайдың қорғаўшы қолы ғана қутқара алғанын билер едим. Олардың ҳǝмме жери кɵгерген ҳǝм тырналған еди, бирақ сүйеклери сыныўы ҳǝм олар ɵлип те қалыўы мүмкин еди. Мен Қудай дуўамды еситип, жақынларымды сақлап қалғанына қатты исенемен (мен дуўаларым күйеўиме де тǝсир етеди ҳǝм ол жǝне бир спорт машинасын сатып алыў ойынан қайтады деп үмит етемен). Дуўа етиў топарындағы ҳаяллар күнде күйеўлериниң самолетта, машинада, жумыста ҳǝм кɵшеде қǝўипсиз жүриўи ушын дуўа етеди. Бизлер дуўамызда анық апаттың атын атамаймыз, ал бизлер Қудайдан тек күйеўимизди ҳǝр қандай жаўызлықтан сақлаўын сораймыз. Қудай: «Ɵз периштелериме сени жолыңда асыраў ушын буйрық беремен, аяғыңды тасқа тийгизбей олар сени қолында кɵтерип кетеди» (Забур 90:11-12), — деп ўǝде етеди. Бирақ бахытсызлық исениўши адамлар менен де болып турады, олар бǝрҳа тосаттан ҳǝм күтилмегенде келеди. Сонлықтан, бǝрҳа күйеўиң ушын дуўа ет, себеби сениң дуўаларыңның жǝрдеми күйеўиң ушын қай жерде керек болатуғынын сен билмейсең. Егер бир нǝрсе болса, сен ол жерде Қудайдың жǝрдеми бар екенине бǝрҳа сүйениўиң мүмкин. #### ДУЎА Қудайым, мен Сеннен күйеўимди түрли бахытсызлық, апат, қǝўип ҳǝм жаўызлықлардың топылыўынан сақлаўыңды сорайман. Оны машинада, самолетта қǝўиптен сақла ҳǝм жаўыз адамлардың ҳүжиминен қорға. Ол қай жерде жүрсе де табанын жаўызлықтан алып ɵт. Табанлары тербелмеўи ушын Сениң жолыңда оны тастыйықла (Забур 16:5 — қа қараң), ал егер бундай болса Ɵзиңниң мийримиң менен оны қолла (Забур 93:18 — қа қараң). Қǝўипти ажыратып билиўи ушын оған даналық бер ҳǝм жолында қǝўипсиз жүриўинде жǝрдем бер (Сулайман. нақ. мақ. 3:21-23). Оның қорғаны, семсери ҳǝм сүйениши бол (Забур 17:2-3 — қа қараң). Оны Ɵзиңниң қанатыңның астына ал (Забур 90:4 — қа қараң), оның жар тасы, баспанасы ҳǝм екиленбеўи ушын сүйениши бол (Забур 61:7 — қа қараң). Мен оған бахытсызлық жақынласпаўы ушын дуўа етемен (Забур 90:7 — қа қараң). Оны ɵлтириў ушын излеп атырған шайтанның жобаларынан қорға (Забур 102:4 — қа қараң), «оның кɵтерилиў ҳǝм түсиўин» ҳǝзир ҳǝм мǝңгиге қорға (Забур 120:8 — қа қараң). ##### СЕНИҢ ДУЎАҢДЫ ҲƎРЕКЕТКЕ КЕЛТИРИЎГЕ ЖƎРДЕМ БЕРЕТУҒЫН МУХАДДЕС КИТАПЛЫҚ АЯТЛАР Қудайдың панасында турған адам Қүдиретлиниң саясынан тыным табады. Мен Жаратқан Ийеге былай айтатуғын боламан: Мениң Қудайым, Саған ҳақыйқаттан исенимимди артаман. (Забур 90:1-2) Аўыр күнде Ол мени панасына алады, Ɵз мǝканының саясында мени жасырар ҳǝм жар тастың шыңына мени кɵтерер. (Забур 26:5) Ɵлим ойпатлығынан қараңғылықта жүрсем де, жаўызлықтан қорқпайман. Себеби Сен мениң менен биргесең, Сениң ҳаса таяғың маған жубаныш береди. (Забур 22:4) Қудайым сүйенишим мениң, қорғаным ҳǝм Қутқарыўшым мениң. Тǝңирим-баспана тапқан жар тасым, қалқаным, қаҳарманым, бас панам мениң. Бас ийиўиме Қудайым ылайықлы, Оны шақырғанымда душпанлардан қутқарады. (Забур 17:3-4) Əжайып мийримиңди кɵрсет, пана излеўшилердиң Қутқарыўшысы. Сениң қолыңның астында, саяңда бас пана тапса болады. (Забур 16:7-8) # 13-БАП ## ОНЫҢ СЫНАҚЛАРЫ Ҳǝмме адамда жағымсыз аўыр ўақытлар болады, бул сизди қысындырмасын. Айырым ўақытлары дуўамыз олардан қашыўға жǝрдем береди, ал айырым ўақытлары болса, керисинше болады. Бизлердиң ɵмиримиз ɵзимиз бенен жүз берип атырған ўақыяларға қатнасымызға байланыслы. Егер ашыў, қайғы жүректи толтырып турған болса, бизлер бǝрҳа Қудайды жағымсыз нǝрселеримизде айыпласақ, ҳǝммеси жаман болады. Егер сынақларға шыдап, Қудайға миннетдаршылық билдирип ҳǝм Оған алғыс айтсақ, онда Қудай бизлердиң қыйыншылықларымызды жақсылыққа айландырыўына ўǝде береди. «Ҳǝй туўысқанларым, түрли сынақларға ушырағаныңызда, оны үлкен қуўаныш пенен қабыл етиңлер. Себеби исенимимиздиң сыналыўынан сабырлылық пайда болатуғынын билесиз» (Яқып 1:2-3). Бундай ўақытта ҳаялының дуўасы күйеўине жǝрдем бермеўи мүмкин, себеби ол бул сынақтан ɵтиўи керек. Егер бизлердиң ɵмиримизде қайғы болмағанда, бизлер қандай майда, қатаң ҳǝм ɵжет жанзатқа айналыўымызды кɵз алдымызға келтириўимиз мүмкин. Бирақ, сениң дуўаң сонда да күйеўиңе жǝрдем береди, яғный, оның жүрегинде, миннетдаршылық, шыдамлылық ҳǝм тынышлықты сақлап турады ҳǝм усындай етип оны ɵзи қабыл етиўи мүмкин болған надурыс шешимлердиң нǝтийжесинен қорғайды. Мениң достым Дженниң қорқынышлы сынақтан ɵтиўине туўра келди. Оның күйеўи Дейвти, уўлы ɵрмекши шаққаннан кейин, оның кɵп ўақыт ɵлим менен гүресиўине туўра келди. Бул дǝўир бир жылдай созылып, олар екеўи ушын да бул жүдǝ аўыр болды. Бул ўақыт ишинде Дейв бириниң изинен бири келген асқынланыўлар менен гүресиўине туўра келди. Олар басқа штатқа кɵшип, туўысқанларынан, досларынан ҳǝм туўылған жеринен узақта болғанда ҳǝммеси жǝне де қыйынласты. Шыпаханаға кɵп пул тɵлегенине байланыслы, олардың қаржы жағдайы да аўырласа баслады. Буның ҳǝммеси ғǝзеплениў ушын жетерли емес пе? Бирақ олар дуўа етиўди, Қудайға шүкирлик билдириўди ҳǝм Онда барлық күшлердиң булағын кɵриўди тоқтатпады. Кɵплеген аўыр жағдайларда Джен кɵз жас тɵгип, Дейвтиң бул гүресте үмитсизленбей, руўхый беккемленип шыдаўы ушын қызғын дуўа етти. Қудай оларды қоллады ҳǝм Дейв шыпа тапты. Усыннан кейин олар исенимниң бай жемисин берди. Ҳǝзирги күнде олардың екеўи де ибадатханада жақсы хызмет алып барады, ал олардың үш баласы терең исенимге ийе ҳǝм Қудайды алғыслаў ушын ɵзлериниң ǝжайып сыйларын қолланады. Олардың ɵмири Қудайдың мийриминиң гуўалығы болып табылады ҳǝм мен олардың басынан ɵткерген сынақлары олардың минезине ҳǝм дүньяға кɵз-қарасына күшли тǝсир еткенине исенемен. Бизлер буны сеземиз бе, сезбеймиз бе, бирақ бизлер Қудайға хызмет еткенимизде Оның сүйиспеншилиги бизлерди ɵмиримиздиң ең қайғылы, жалғыз, аўыр ўақытларында да қорғайды. Бизлерге аўыр болған ўақытта, Ол бǝрҳа бизлер менен бирге. Егер бизлер дуўа етип, Оның қорғаўын излесек, Ол бǝрҳа жарылқаў ҳǝм жақсылықты жаратады. «Қудай Ɵзин сүйетуғынларға, яғный Оның қǝлеўи бойынша таңланғанларға ҳǝмме нǝрсени жақсылық қылып хызмет еттиретуғынын билемиз» (Рим. 8:28). Бизлер қыйыншылықларды бастан ɵткергенимизде, Оның алдында бас ийип, ɵзимиздиң «мен» деген кɵкирегимизди сындырыўымыз Қудайға унайды. Ол бизлерди аяйтуғын, шыдамлы, руўхый күшли ҳǝм Қудайдың даңқын кɵтериўши, Қудайдың ҳақыйқый адамлары сыпатында кɵриўди қǝлейди. Бизлер Оның сүйиспеншилигине түрли қыйын жағдайларда жǝрдем бериўине исенип, үйрениўимиз ушын Ол бизлерге қыйыншылықлар жибереди. Бизлер Майкл екеўимиз ɵткен қыйыншылықлар, бизлердеги қайғы, аўырыў, түсинбеўшиликке қарамастан, бизлерди Қудайға жақынластырғанын исенимли түрде айтыўым мүмкин. Бизлер ҳǝр бир қыйыншылығымызда Қудайға қызғын дуўа еткенимизде, исенимимиздиң ɵскенин, Қудайдың жолында руўхый беккемленгенимизди сездик. Ал, бизлер туўры ислегенимизде болса, бизлердиң ɵз-ара сүйиспеншилигимиз беккемленди. Егер сениң күйеўиң сынақлар сызығынан ɵтип атырған болса, онда ɵзиңниң ўазыйпаңды орынла. Ол ушын дуўа ет, бирақ оның аўырманлығын ɵз мойныңа алма. Сен қайғысын бɵлисиўди қанша қǝлесең де, ɵзиңе оның қыйыншылықларының бир бɵлегин алыўға урынба, себеби бул оны тек ҳǝлсизлендиреди ҳǝм жеңилиў сезимин береди. Соның менен бирге, Қудай Ɵз еркиниң орынланыўында, сениң Мухаддес Руўхтың орнын басыўға ҳǝрекет етип қарсылық етиўиңди қǝлемейди. Күйеўиңниң қайғысын кɵриў қанша қыйын болса да, сениң ўақыяның барысына кесент етиўге ҳақың жоқ. Дуўа етиў, жигерлендириў ҳǝм оны қоллаў-мине булар сениң ўазыйпаң, себеби Қудай Ɵзиниң мақсетлеринде бизлерге сынақлар жибереди ҳǝм сен Оның жолында турмаўың керек. Егер күйеўиң ақша қыйыншылығын, аўырыў, жеңилиў, жумыссыз қалыў, шаңарағында қыйыншылықты бастан ɵткерип атырған болса, онда Мухаддес Руўхтан оның ɵмирине кирип, оны ɵзгертиўин сора. Күйеўиңниң дыққатын Қудайдың бейиш жериниң үлкен кɵринисине қарат ҳǝм оған бизлердеги Қудайдың уллылығының қасында бизлердиң қыйыншылығымыз ҳеш нǝрсе емеслигин еслетип тур. «Мениң ойымша, ҳǝзирги қыйыншылықлар келешекте бизлерге берилетуғын уллылыққа салыстырғанда ҳеш нǝрсе емес» (Рим. 8:18). Оны мына ǝжайып сɵзлер менен қолла: «Маған күш-қуўат беретуғын Ийса Масих пенен бирге ҳǝмме нǝрсени ислей аламан» (Филип. 4:13). Ҳǝзирги ҳǝм келешектеги сынақлар да Қудайдың сүйиспеншилигинен айыра алмайтуғынына күйеўиңниң исениўи ушын дуўа ет. «Ɵйткени мен исенемен: ɵлим де, ɵмир де, периштелер де, ҳǝкимшиликлер де, ҳǝзирги ҳǝм келешек заман да, күшлер де, бǝлентлик те, тереңлик те, улыўма жаратылған ҳеш бир нǝрсе Қудайдың бизлерге Ийемиз Ийса Масих арқалы берген сүйиспеншилигинен бизлерди айыра алмайды» (Рим. 8:38-39). Ал, егер Қудайдың сүйиспеншилигинен бизлерди ҳеш нǝрсе ажырата алмайтуғын болса, онда қандай қыйыншылық болса да, бизлерде үмит бар. Қыйыншылық тазалаўшы от ҳǝм шомылдырыўшы суўдай ҳǝрекет етеди. Күйеўиң оларда ɵртенип ямаса ығып кетиўин сен қǝлемейсең-ғо. Сен оны тазаланған ҳǝм жаңарған ҳалында кɵргиң келеди, «бирақ, булардың ҳǝммесиниң үстинен бизлерди сүйетуғын Масих себепли үлкен жеңиске ерисемиз» (Рим. 8:37). «Бирақ ақырына дейин шыдаған қутқарылады» (Матта 24:13). Күйеўиң исенимде беккем турып, ɵзин күйдириўши оттың шоғынан, қорқынышлы суўдың тереңлигинен қутқаратуғын Қудайдың ɵз дуўаларына берген жуўапларын күтиў тилеги менен жасаўы керек. #### ДУЎА Қудайым, тек Сен күйеўимниң қыйыншылықларының ҳǝммесин билесең. Мен олардың тек сыртқы кɵринисин билемен, Сен болсаң ол ийнинде кɵтерип жүрген қыйыншылықлардың барлық аўырманлығын кɵресең. Сен бизлерди сынап атырғаныңды билемен ҳǝм мен Сениң еркиңниң орынланыўына қарсы турғым келмейди. Мен күйеўимниң бул гүресте жеңимпаз болыўын қǝлеймен. Қудайым, Сен бизлердиң панамыз ҳǝм күшимиз, қыйыншылықта ҳақыйқый жǝрдемшимизсең (Забур 45:2 — қа қараң). «Сонлықтан, реҳимлилик алыў ушын ҳǝм керек ўақтында ɵзлеримизге жǝрдем ететуғын мийримге ерсиў ушын, Қудайдың мийримге ийе тахтына батыллық пенен жақынлайық» (Еврей 4:16 — қа қараң) ушын рухсат еттиң. Мен Сениң тахтыңа күйеўимди жарылқаўың ушын ɵтинип бараман. Гүресиў ушын оның жанын беккемле ҳǝм шыдамлылық пенен Саған деген үмитти бер (Забур 26:1-4 — қа қараң). Ҳеш нǝрсеге қарамай, беккем турыўына жǝрдем бер. Оған барлық ўақытта «үмит етип, қуўанып жасаўына, қыйыншылықларда сабырлы болып, үзликсиз дуўа етиўине» жǝрдем бер (Рим. 12:12 — қа қараң). Ɵмир жолын басып ɵтиўинде ҳǝм кейпияты түспеў ушын жǝрдем бер, себеби Сен былай айтқансаң: «ǝдил адам жети мǝрте қуласа да аяққа турады...» (Сулайман. нақ. мақ. 24:16 — қа қараң). Ол бǝрҳа мынаны: «Оның табаны Қудайда тастыйықланып ҳǝм Ол оның жолын қорғайтуғынын» (Забур 36:23) есте тутсын. Ол Саған сүйениўи ушын ҳǝм «қыйыншылықтан ɵтемен дегенше», қорғап туратуғыныңа исениўи ушын дуўа етемен (Забур 56:2 — қа қараң). Ол Сениң жуўапларыңды күтип билсин, себеби «Қудайға исенген адам жаңа күш-қуўатқа ийе болады, бүркиттей қанатларын жайып кɵтериледи: ағады, бирақ сарқылмайды, жүре береди, бирақ шаршамайды» (Ийшая 41:31 — қа қараң). Оның мүрǝжатын еситиўиң ҳǝм оны түрли келиспеўшиликлерден қутқарыўың ушын ол тек Сеннен күш табыўы ушын дуўа етемен (Забур 33:7 — қа қараң). ##### СЕНИҢ ДУЎАҢДЫ ҲƎРЕКЕТКЕ КЕЛТИРИЎГЕ ЖƎРДЕМ БЕРЕТУҒЫН МУХАДДЕС КИТАПЛЫҚ АЯТЛАР Усы себепли қуўанып, шадланыңлар. Ҳǝзир қысқа бир ўақыт ҳǝр түрли сынақларға ушырағаныңызда, азап шегиўге туўра келсе де, бул исенимиңиздиң таза болыўы ушын пайдалы. Ɵйткени от пенен тазаланғанда жоқ болып кететуғын алтыннан қымбатлырақ болған исенимиңиз сынаўдан ɵтип, сизлер Ийса Масих келгенде, мақтаў, даңқ ҳǝм ҳүрметке сазаўар боласызлар. (Петр. 1-х 1:6-7) Барлық тǝшўишлериңди Қудайға тапсыр ҳǝм Ол сени қоллайды. Ол ǝдил адамның екилениўине жол қоймайды. (Забур 54:23) Мен Қудайды шақыраман ҳǝм ол мени қутқарады. Кеште, азанда ҳǝм күндиз ɵтинип жылайман ҳǝм Ол мениң даўысымды еситеди. (Забур 54:17-18) Сен маған кɵплеген апатларды жибердиң, бирақ жǝне мени тирилтип, жердиң түпкиринен шығардың. Сен мени кɵтерип, жубаныш бердиң. (Забур 70:20-21) # 14-БАП ## ОНЫҢ МОРАЛЬЛЫҚ ПРИНЦИПЛЕРИ Адамның ҳақыйқый жүзи, оған ҳеш ким дыққат салып бақлап турмағанына исенгенинде кɵринеди. Гǝп адамның адамгершилик принциплери ҳаққында кетип атыр екен, ол ǝтирапында қандай жағдай жүз берсе де, буған қыянет етпейди. Бул ҳақыйқатшылықтың, намыстың уллы ҳǝм ɵзгермейтуғын үлкен дǝрежеси. Моральлық принципти сақлаў, бул ɵзиңе қандай қатнаста болыўын қǝлесең, сен де адамларға сондай қатнаста болыўың керек дегенди билдиреди. Минезиңде пүтинликке ийе адамның сɵзи бǝрҳа мǝниге ийе болады. Ол ɵзиниң ҳақыйқый нийетлерин жасырыў ушын сɵз бенен ойнамайды. Оның «аўа»сы бǝрҳа «аўа»ны, ал оның «яқ» дегени бǝрҳа «яқ» дегенди билдиреди, себеби «буннан басқасы шайтаннан» (Матта 5:37 — қа қараң). Бундай адамлар биреўге унаў ушын екилик ойынды алып бармайды, себеби оның мақсети — ҳақыйқатлық бойынша ҳǝрекет етип, Қудайға унаў. Сизлер ɵзлериңизди адамлар алдында ҳақ қылып кɵрсетесизлер, бирақ Қудай кеўиллериңизди биледи. Адамлар қымбат деп санаған нǝрсе Қудай алдында жеркенишли (Лука 16:15 — қа қараң). Əдеп-икрамлы адам «ашыўдан ант ишеди ҳǝм ɵзгермейди» (Забур 14:4 — қа қараң). Ɵзине зыян келетуғын болса да, екиленбей ɵз сɵзинде турады. Ол ушын ҳақыйқат ҳǝммесинен жоқары турады ҳǝм сɵзсиз оның шынлығына сүйениўиңиз мүмкин. «Ким гүнасыз жүрсе, ол қǝўипсизликте жүреди» (Сулайман. нақ. мақ. 10:9 — қа қараң), себеби Оның ǝдеп-икрамлылық минезиниң тийкары оны қорғайды ҳǝм ол Қудайдың бирлигине ийе болады (Забур 40:13 — қа қараң). Мен күйеўимди дǝл усындай Адам, — деп айта аламан, себеби ол ҳақыйқатсызлықтың жүзи алдында туўры турып, ҳақыйқат деп есаплаған нǝрсесине садық қалады. Бул ол ушын айырым ўақытлары қымбатқа түсетуғын еди. Мен бǝрҳа оның ǝдил ислеўи ушын дуўа етемен, бирақ мениң дуўаларымсыз усындай ислей алмайтуғыны себепли емес (исенемен, мениң ол ушын дуўа етиўлеримсиз-ақ, ол ɵз минезин сақлап қалады), ал олардың бǝрҳа аўыр шешимди қабыллаў ўақтында ҳǝм түрли жағдайлардан ылайықлы шығып кетиўге жǝрдем беретуғыны себепли. Мухаддес Китап былай дейди: «Əдил адам пǝк жүреди, оның балалары қандай бахытлы» (Сулайман. нақ. мақ. 20:7). Бизлердиң балаларымыз буны түсинбесе де, ǝкелеринен бай мийрас яғный, үлкен минез принциплерин алады. Олар оның моральлық кɵринисиндеги пүтинликти, ɵзине алған жарылқаўды мийрас етеди. Мен жǝне олардың «намысты жаслайынан сақлаў» керек екенин балаларына үйретиўи ушын дуўа етемен. Минездиң пǝклиги жүректен туўылады. Ишки пүтинликке ийе адам болыў ушын дǝслеп буны қǝлеў керек. Бундай шешим тек жеке ҳǝм ɵз қǝлеўи менен болыўы мүмкин, бирақ сен күйеўиңди дуўаң арқалы қоллаўың мүмкин. Оған душпанның соқыр қылып, жолдан адастырыў мақсетинде исленген топылысына қарсы турыўға жǝрдем бер. Бирақ, күйеўиң дурыс шешим қабыллағаннан кейин де, жаўызлық оны азғырыўды даўам етеди ҳǝм сол ўақытта сениң дуўаларың оған гүманланыўда ҳǝм екилениўшиликте қалқан болып, ɵзи менен ɵзи қалғанда, туўры жолда жүриў ушын жǝрдем береди. #### ДУЎА Қудайым, мен Сеннен ɵтинемен: күйеўимди Сениң ўǝсиятыңа тийкарланатуғын, минези пүтин адамға айналдыр. Оған «аўа» деп айтыў керек болған ўақытта «аўа», «яқ» деп айтыў керек болған ўақытта «яқ» деп айтыўы ушын күш бер. Ɵзиниң исениминде турыўға ҳǝм бул дүньяның тǝсирине түсип ийилмеўине, «ҳақыйқатлықты бǝрқулла үйренип, оны ҳеш қашан түсинип жете алмайтуғын» адамға уқсамаўға жǝрдем бер (Тимофей. 2-х 3:7). Даналықтың даўысына қулақ салыўшы ҳǝм оның Ол Сениң жолыңда беккемлениўи ушын ҳақыйқатлық Руўхына толсын. Оны ҳақыйқатлықта жасаўшы адам қыл. Оны бǝрҳа ҳақыйқатлық Руўхы жетелеўине жǝрдем бер (Юхан 16:13 қа қараң). Қайғы ўақтында оған шыдаўға күш бер ҳǝм ҳақыйқатлық ҳаққында гуўалық етиўине жǝрдем бер. Ɵзиниң қǝтелерин мойнына алыўға үйрет, себеби Сен «Гүнамыз жоқ десек, ɵз-ɵзимизди алдаған боламыз ҳǝм бизлерде ҳақыйқатлық болмайды. Егер гүналарымызды мойынласақ садық ҳǝм ҳақ Қудай гүналарымызды кеширип, бизлерди ҳǝр қандай жаманлықтан тазалайды» (Юхан. 1-х 1:8-9), — деп айтқансаң. Оны ҳǝр түрли ɵтириклерден қорға ҳǝм оның жүрегин барлық ɵтириктен алыслат. Оның мойнын мийрим ҳǝм ҳақыйқатлық пенен ора ҳǝм «Қудайдың ҳǝм адамлардың кɵз алдында жақсылыққа» ийе болыўы ушын «оларды жүрегиниң тɵрине жазып қой» (Сулайман. нақ. мақ. 3:3-4). ##### СЕНИҢ ДУЎАҢДЫ ҲƎРЕКЕТКЕ КЕЛТИРИЎГЕ ЖƎРДЕМ БЕРЕТУҒЫН МУХАДДЕС КИТАПЛЫҚ АЯТЛАР Кǝмбағал болып туўры жүриў, бай болып қыйсық жүргеннен жақсырақ. (Сулайман. нақ. мақ. 28:6) Əдил адамның ашық кеўиллилиги жол кɵрсетсе, ɵтирикшиниң еки жүзлилиги ɵлимге алып келеди. (Сулайман. нақ. мақ. 11:3) Қудайым, мени ҳақыйқатлығымда ҳǝм ǝдиллигимде ҳүким ет. (Забур 7:9) Қудайым жүзимди жарық қыл, себеби мен пǝк болып жүрдим, Қудайыма сүйенип екиленбедим. (Забур 25:1) Ҳақыйқатлық ҳǝм ǝдиллик мени қорғайды, себеби мен Саған үмит етемен. (Забур 24:21) # 15-БАП ## ОНЫҢ АБРОЙЫ Бизиң дǝўиримизде коммуникация ҳǝм ғалаба хабарландырыў қуралының раўажланған усылында ɵзиңниң жақсы атыңды сақлап қалыў аңсат емес. Ɵмири бузылыў ушын адамға керек емес ўақытта кереке емес жерде болыўдың ɵзи жетерли. Абройға жеңил ой менен қараўға болмайды. «Жақсы ат үлкен байлықтан жақсырақ» (Сулайман. нақ. мақ. 22:1 — қа қараң) ҳǝм «қымбат тастан жақсы» (Ўазшы 7:1 — қа қараң). Оны қǝдирлеп сақлаў керек. Ɵзиниң абройын қǝстерлемейтуғын адам ɵзине исенимин жойтыўы мүмкин. Бизлердиң абройымызға надурыс ис-ҳǝрекетлеримизден, қарым-қатнаста болатуғын адамларымыздан ямаса бизлерге айтылған жаман сɵзлерден зыян келиўи мүмкин. Бирақ, бул ўақыялардың ис-ҳǝрекетлердиң ҳǝр биринде жаўызлық ҳǝрекет ететуғыны анық. Суд шешими, ɵсек, жаман қарым-қатнас, газетадағы мақала ямаса 15-минутлық «абройыңды тɵгиў» — буның ҳǝммеси қǝлеген ўақытта, ɵмир бойы ерискен нǝрселеримизди жоқ қылыўы мүмкин. Буннан қашыўдың жалғыз усылы — дуўа етиў болып табылады. Мениң күйеўиме ɵзиниң ямаса танысларының сɵзлери газетада билип болмастай дǝрежеде ɵзгертилип жазылғанында, аўыр ўақытларды басынан ɵткериўине туўра келди. Бундай жаланың қǝўпин түсинип, бизлер ҳақыйқатты айтыў ушын бул мақаладағы адамларға қоңыраў қылдық. Əлбетте, бизлер ҳǝммесине қоңыраў қыла алмадық ҳǝм бизлер булардың ҳǝммесин Қудай басты-басты қылыўы ушын дуўа еттик. Соң, бир-еки күн ɵткеннен кейин ойлап табылған жǝнжел ɵз — ɵзинен сɵнип бара баслады. Буның ҳǝммеси буннан да жаман тамам болыўы ҳǝм жала бизлерди ɵзине жутып жибериўи мүмкин еди. Мен дуўаларымызға жуўап ретинде Қудайдың күши бизлерди қорғағанына исенемен. Мухаддес Китап жақсы ҳаялдың күйеўи — ҳүрметленген адам, ол «күйеўи сол жердиң ақсақаллары менен қала дǝрўазаларында отырады» (Сулайман. нақ. мақ. 31:23 — қа қараң), — деп айтады. Бирақ бǝрҳа усындай бола ма? Жақсы ҳаялы бар еркектиң абройы бǝрҳа жақсы болады, — деп исениўге бола ма? Буған ҳаялдың қатнасы бар ма? Ҳақыйқаттан, ҳақ ҳаялы бар адам ҳүрметлениўге ылайық ҳǝм мен оның дуўалары күйеўиниң жақсы атын услап турыўда жǝрдем береди деп исенемен. Сен күйеўиңниң абройы ушын дуўа етиўди тоқтатпаўың керек, бирақ оның еркин адам екенин де умытпа. Егер ол Мухаддес Руўхтың басқарыўына дыққатсыз болса, ол қулақсызлық кɵрсетип апатқа ушыраўы мүмкин. Егер ўақты-ўақты менен онда бундай ўақыя жүз берип турса, егер оның абройына дақ түссе, онда бул жағдайдың ɵзгериўи ушын Қудайдан сора, себеби буны ислеўде де Қудай күшли. #### ДУЎА Қудайым, мен күйеўимниң абройына дақ түспеўи ушын ɵтинип сорайман. Мен кɵбинесе адам ҳаққында пикир «оны алғыслаўшы аўызлар менен» қǝлиплесетуғынын билемен (Сулайман. нақ. мақ. 27:21 — қа қараң) ҳǝм мен адамлардың ол ҳаққында жақсы сɵзлер айтыўын ҳǝм ҳүрметлеўин қǝлеймен. Сен Ɵзиңниң Сɵзиңде «себепсиз ғарғыс адамға тиймейди» (Сулайман. нақ. мақ. 26:2 — қа қараң), — деп айтқансаң. Мен ҳеш ким, ҳеш қашан ол ҳаққында жаман сɵз айтпаўы ушын сорайман. Оны түрли ҳүким аўырманлығынан, криминаллық жағдайлардан қорға. Қудайым, оны душпанларынан азат ет. Оған қарсы шыққан адамлардан сақла (Забур 58:2 — қа қараң). Оны қыйыншылыққа тартып атырғанларды тоқтат (Забур 34:1 — қа қараң). Қудайым, бизлер Саған сүйенемиз ҳǝм бизлер ҳеш қашан уятқа қалмаймыз (Забур 70:1 — қа қараң). «Егер Қудай бизлерди жақласа, бизлерге ким қарсы тура алады» (Рим 8:31 — қа қараң). Сен «жақсы терек жаман мийўе береди, жаман терек жақсы мийўе бере алмайды. Жақсы мийўе бермейтуғын ҳǝр бир терек шабылып, отқа тасланады» (Матта 7:18-19), — деп айттың. Мен күйеўим ǝдилликте жақсы жемис бериўи ҳǝм адамлар оның жақсы ислерин билиўи ушын сорайман. Ҳақыйқатшылықтың, шыдамлылықтың жемислери оның жумысларында да абройына дақ түспейтуғындай етсин. Оны душпанынан қорға, жаман адамлардың мǝслǝҳǝтинен сақла ҳǝм ол ушын арналған барлық қақпанлардан алып ɵт (Забур 30:5 — қа қараң), оны жала ҳǝм ɵсектен сақла. Оған жала жапқан аўызларға Ɵзиңниң тазалаўшы отыңды тийгиз. Олардың айыбы ашылсын ҳǝм оған жаманлық тилейтуғынлардың ҳǝммеси уятқа қалсын (Забур 39:15 — қа қараң). Ол Саған исенсин ҳǝм жаманлық ойлаўшылардың алдында қорқпасын (Забур 55:12 — қа қараң). Себеби Сен Маған исенген ҳеш бир адам уятқа қалмайды дегенсең (Рим 10:11 — қа қараң). Оған жол кɵрсетип, оны басқар ҳǝм оның қорғаны ҳǝм панасы бол. Жақсы ислерин кɵриўи ҳǝм Сени, Қудайым деп алғыслаўы ушын адамлардың алдында нур болып жарқырап турсын. ##### СЕНИҢ ДУЎАҢДЫ ҲƎРЕКЕТКЕ КЕЛТИРИЎГЕ ЖƎРДЕМ БЕРЕТУҒЫН МУХАДДЕС КИТАПЛЫҚ АЯТЛАР Жаман адамлардың жаласынан, жаўызлардан мени қорға. Олар тиллерин қылыштай қайрап, оқтай зǝҳǝрин шашады. Əдил адамды аңлып турып, ҳеш қорқпастан тосаттан оны атады. (Забур 63:3-5) Қудайым, Саған тǝўекел қылдым деп уятқа қалмайман. Уятсызлардың абройы тɵгиледи ҳǝм ɵлилер мǝканына тасланады. Ɵтирикшилер ǝдил адамның үстинен күлип, кɵкирекленип жүреди. (Забур 30:18-19) Адамлар сизлерди Мен себепли хорласа, қуўдаласа, ҳǝр түрли ɵтирик сɵзлер менен жаманласа, сизлер бахытлысызлар! Қуўаныңлар ҳǝм шадланыңлар! Ɵйткени сизлердиң аспандағы сыйыңыз үлкен. Сизлерден бурынғы пайғамбарларды да усылай қуўдалаған. (Матта 5:11-12) Асығып шағым етпе, ақырында уялып қалсаң не болады? Қоңсыңның ɵзи менен сɵйлес. Сырды басқаларға ашпа. Себеби, еситкенлер сени уятқа қалдырады, атың болса бир ɵмирге жаман болады. (Сулайман. нақ. мақ. 25:8-10) Қудайдың таңлап алған адамлары болған бизлерди ким айыплай алады? Қудайдың Ɵзи бизлерди ақлайды-ғо. Ким бизлерди ҳүким ете алады? Ҳеш ким! Себеби ɵлип, ɵлимнен қайта тирилген Масих Ийса Қудайдың оң жағында турып, бизлер ушын ɵтинбекте. (Рим. 8:33-34) # 16-БАП ## ОНЫҢ БИРИНШИЛИГИ Еркеклер ɵмиринде биринши орынға нени қойыў керек екенин жетерли дǝрежеде кɵз алдына келтире алмайды. Бирақ, ҳǝр бир ҳаял күйеўиниң қымбатлы нǝрселер жазылған дизиминде Қудайдан кейин, баслы орында болыўды қǝлейди. Усыған уқсағанды ǝрман ететуғын ҳаялдың ɵзи, биринши орынға Қудайды ҳǝм күйеўин қойыўы керек екенин түсиндим. Басқаша айтқанда, егер сен күйеўиң сени ҳǝмме нǝрседен: жумыстан, балалардан, досларынан ҳǝм басқа да жумысларынан жоқары баҳалаўын қǝлесең, сен де оған тап сондай қатнаста болыўың керек. Егер Қудай менен күйеўиң сениң ɵмириңде ылайықлы орынды ийелемесе, онда күйеўиңниңде ɵзиниң ɵмиринде Қудайды ҳǝм сени баслы орынға қойыў мүмкиншилиги аз болады. Мен шаңарақта бала пайда болғанда бириншиликлердиң тǝртибин дурыс қадағалап турыў жүдǝ қыйын екенин билемен. Олар бǝрҳа дыққатты талап етеди ҳǝм олардың ғамын сеннен басқа ҳеш ким ойламайды. Ақыр-ақыбет, күйеўиң үлкен адам ҳǝм ол ɵзине-ɵзи қарай алады. Егер балаларыңыз жоқ болса, онда дыққатыңды алатуғын жумыс, үй, дослар, жобалар, қызығыўшылықлар сыяқлы кɵплеген басқа нǝрселер табылады. Бул жумыслардың арасында ең соңына күйеўиңди қоймаў ямаса оған буны сездирип қоймаў жүдǝ қыйын. Бахтымызға, «бириншилик» түсиниги оған жиберген ўақыттың саны байланыслы емес. Болмаса адамлар ҳǝптесине қырқ саат жумыс ислеп, Қудайдың оның ушын жумыстан кейин екинши орында турғанын кɵрген болар еди. Буннан тысқары, балаңыз бенен күйеўиңизге бирдей ўақыт ажыратыўдың мүмкиншилиги жоқ, себеби бундай ўақытта бала кɵп дыққатқа мүтǝж болады. Күйеўиңе келсек, гǝп оған қанша ўақыт ажыратыўыңда емес, ал оны қǝдирлейтуғыныңды сезиўине мүмкиншилик бериўиңде. Азанда ǝсте сүйиў, күлимсиреў ҳǝм қушақлаў оның қаншама дǝрежеде оған ɵзиниң сен ушын ǝҳмийетли екенин билдиреди. Сен оннан: «Бүгин мен сен ушын не ислей аламан?» — деп сораўың мүмкин (ǝлбетте, оның илтимасын орынла). Ол ушын дуўа ететуғыныңды билсин. Оннан анық не ушын сорап дуўа етейин деп қызықсынып сора. Күн даўамында басқа жумыслардың арасындағы қарым-қатнас, оған сениң айрықша дыққат аўдарыўыңның гуўалығы болады. Бириншиликлерди ɵз орнына қойыў, олардың сениң жүрегиңдеги орны менен байланыслы. Ўақытты күйеўиңиз бенен жалғыз бирге қалатуғындай етип жобаластырың. Бул ушырасыў үйден тысқары ɵткерилген түн, романтикалық кешки аўқат ямаса үйде балалар ҳǝм досларсыз бирге қалатуғын кеш болыўы мүмкин. Бул оны сениң жүрегиңде баслы орынды ийелейтуғынына исендиреди. Егер күйеўиң сени кɵбирек жақсы кɵриўин қǝлесең, сен ɵзиң оны қаттырақ жақсы кɵриўиң керек. Егер сен бул ушын дуўа етсең, сɵзсиз бул жүз береди. Бирақ, егер ҳаяллық ўазыйпаларыңды орынлаў ушын ўақтың ҳǝм күшиң жоқ болса, онда Қудайдан Мухаддес Руўхқа толтырыўын сора. Оның басқарыўын изле ҳǝм Ол ɵмириңде бириншиликлерди орнына қойыўына жǝрдем береди. Егер сениң күнделикли дизимиңде Қудайға ўақыт ажыратылмаған болса, күниңди ҳǝм бириншиликлердиң дизимин қайта кɵрип шық, себеби сениң алдыңғы дизимиңниң ҳеш нǝрсеге пайдасы жоқ. Күйеўим шуғылланып атырған бизнесте, адамлардың тез ǝўмет шоққысына кɵтерилип атырғанын кɵриўге болады. Бирақ сол жерде оларды кɵбирек ǝўметти қǝлеў, кɵбирек ерк ҳǝм кɵп байлықты қǝлеў руўхы күтип тур. Егер бул адамлар жанларының ғамын ойламаса, егер олар менменликтиң жетегинде болса, олар сɵзсиз ɵзлери ушын қойылған қақпанға түсиўи мүмкин ҳǝм Қудайды, шаңарағын, ибадатхананы, досларын таслап кетеди. Бул кɵтерилген «жулдызлар» жерге түскенинде, олардың түсиўи жумсақ болмайды. Бизлер бундай болғанын қǝлемеймиз, ǝсиресе күйеўимиз бенен. Күйеўиң ɵмиринде биринши орынға Қудайды, екинши орынға сени ҳǝм үшинши орынға балаларыңды қойыўы ушын дуўа ет. Бундай жағдайда, оның ɵмириңде қандай жағдай жүз бермесин, оның қалған бириншиликлери дурыс тǝртипте қойылған болады, ал тынышлық ҳǝм бахыт келешегиңиздиң гиреўи болады. #### ДУЎА Қудайым, мен Сени ɵмиримниң Басшысы деп жǝриялайман. Биринши орында Сени излеўге жǝрдем бер. Күйеўимди балаларымнан, жумыстан, шаңарағымнан, досларымнан, түрли жумыслар ҳǝм кɵз-қараслардан жоқары қойыўға үйрет. Мен ушын қǝдирли екенине гүман туўылғанында оған жеткерген аўырыўларымды шыпала. Барлық мǝниссиз, бос ҳǝм набыт ететуғын нǝрселерди меннен алып тасла ҳǝм ўақтымды алмаўы ушын бириншиликлеримди ɵз орнына қойыўға үйрет. Күйеўимниң ɵмиринде бириншиликлери минсиз дизимде турыўы ушын дуўа етемен. Оның жүрегиниң Басшысы ҳǝм Патшасы бол. Сениң менен жалғыз қалатуғындай етип, ўақтын жобаластырыўына жǝрдем бер. Оның ɵмиринде Саған хызмет етиўди биринши орынға қойыў Сениң еркиң екенлигин корсет. Оған карьерасы, дослары ҳǝм басқа да жумысларынан, мени, балаларды жоқары қоятуғындай даналық бер. Биринши орында Ол сени излесин ҳǝм Саған бойсынсын, себеби сол ўақытта оның ɵмиринде тǝртип болады. ##### СЕНИҢ ДУЎАҢДЫ ҲƎРЕКЕТКЕ КЕЛТИРИЎГЕ ЖƎРДЕМ БЕРЕТУҒЫН МУХАДДЕС КИТАПЛЫҚ АЯТЛАР Ең алды менен Қудайдың Патшалығын ҳǝм Оның ҳақлығын излеңлер! Сонда булардың ҳǝммеси сизлерге қосымша етип бериледи. (Матта 6:33) Тек ɵзиңиздиң ғана емес, ал басқалардың да пайдасын гɵзлеңлер. (Филип 2:4) Ҳеш ким еки хожаға хызмет ете алмайды. Ɵйткени ол биреўин жек кɵрип, екиншисин жақсы кɵреди ямаса биреўине садық болып, екиншисине итибарсыз қарайды. Сизлер ҳǝм Қудайға, ҳǝм байлыққа бирдей хызмет ете алмайсызлар. (Матта 6:24) Жǝне Аспан Патшалығы ҳасыл ҳинжилер излеп жүрген бир саўдагерге уқсайды. Ол жүдǝ қымбат бир ҳинжини тапқанда, ɵзиниң барлық мал-мүлкин сатып жиберип, сол ҳинжини сатып алыпты. (Матта 13:45-45) …Қудай Ийеңе сыйынып, тек Оған хызмет ет. (Матта 4:10) # 17-БАП ## ОНЫҢ ҚАРЫМ-ҚАТНАСЫ Жалғызлықта жақсы нǝрсе аз. Бизлердиң ҳǝммемиз жақсы адамлар менен сɵйлесиўге мүтǝжбиз, себеби бул бизлерге ҳақыйқатлық жолында турыўымызға жǝрдем береди. Ҳǝр бир ерли-зайыплылар кем дегенде, еки исениўши шаңарақ пенен қатнаста болыўы керек, себеби бундай дослық оларға жаңа күш берип, ɵмирин толтырады. Бундай адамлар менен қатнас бизлердиң исенимимизди беккемлейди, ɵмиримизге тынышлық берип, мǝниске толтырады, ал буның ҳǝммеси болса, дурыс шешим қабыллаўға жǝрдем береди. Басқа адамлардың жақсы тǝсири некелик қатнасқа унамлы пайдасын тийгизеди. Бир күни досларымыз күйеўимиз екеўимизди қонаққа шақырды, бирақ жолға шықпастан алдын Майкл екеўимиз урысып қалдық ҳǝм усы ўақыядан соң жолда машинада кетип баратырып ҳеш сɵйлеспей барғанымызды еслеймен. Мен сол ўақытта тек бир нǝрсе ҳаққында, яғный үй ийелериниң кейпиятын бузбай, кеш даўамында қалай отырамыз деп ойладым. Бирақ олардың үйине барғанымызда, сол ўақыттың ɵзинде-ақ ɵзлеримизди жыллылық, сүйиспеншилик ҳǝм ойымызда, сезимлеримизде Қудай бирге екени менен жарылқағанын сездик. Бизлер кɵп ўақыт ɵтпей урысқанымызды умытып, күлисип ҳǝм сɵйлесип отырдық. Сол үйде ǝпиўайы кешениң аўҳалы сезилмеди, ал Майкл екеўимизге жақсы тǝсир еткен Қудайдың қуўанышы бар еди. Ерли-зайыплылар бизиң үйге қонаққа қатты урысып келип, кетерде жүреклеринде тынышлық пенен қайтқан ўақытлар да кɵп болады. Бир күни ерли-зайыплы досларымыз үйге қоңыраў қылып, қатты урысып қалғаны себепли қонаққа келе алмайтуғынын айтты. Мен оларды жақсы түсинетуғынымды айттым, себеби бизлер менен де тап сондай ўақыя болған еди, бирақ олар үндемей отырса да, қонаққа келиўин қатты қǝлейтуғынымды айттым. «Оннан тысқары, сизлер аўқатланып алыўыңыз керек. Егер қǝлесеңиз, бир-бириңизден узақ отырың», — деп даўам еттим. Азғана ɵтиниўден кейин олар келиўге разы болды ҳǝм кешемиз жүдǝ ǝжайып ɵтти. Ақырында бизлер болған ўақыя үстинен күлип те алдық ҳǝм олар қол усласып үйлерине кетти. Исениўши, Қудайды сүйиўши адамлар менен ушырасыў бирден болмайды. Бундай адамлар жолымызда ушырасыўы ушын дуўа етиўимиз керек. Олар менен танысып болып, олар менен досласыў ушын да дуўа етиўимиз керек. Мухаддес Китап бизлерди «исенбейтуғынлар менен бирге бир мойынтырықтың астына кирмеңлер» (Коринф. 2-х 6:14) деп үйретеди. Бул бизлердиң исениўши емес адамлар менен қатнастан қашыўымыз керек — дегенди аңлатпайды, бирақ бизлер Қудайды билмейтуғын ҳǝм сүймейтуғын адамлар менен қатнас жасаўымызға болмайды, себеби буның нǝтийжеси жаман болыўы мүмкин. « Əдил адам жақынына жолды кɵрсетеди, ал гүнакарлар болса жолдан адастырады» (Сулайман. нақ. мақ. 12:26). Соның ушын исениўши дослар келетуғын үй ибадатханасына ийе болыў ǝҳмийетли. Жүреклери Қудайға қараған адамлар менен қатнаста болыўға ҳǝрекет етиң. Күйеўиңниң исениўши дослары болыў ушын дуўа ет. Егер бундайлар табылса, олардың қатнасына кесент етпе, себеби бул оның тазарыўына тǝсир етеди. «Темир темирди қайрайды, адам болса достын» (Сулайман. нақ. мақ. 27:9). Егер бир нǝрседе теңлик жоқ болса, оның тиклениўи ушын дуўа ет. Бизлердиң баламыз туўылғанда, Майкл азаннан түнге шекем жумыс иследи, ал дем алыс күнлерин ол гольф-клубта бейсбол майданында ямаса дослары менен футбол ойнап стадионда ɵткеретуғын еди. Мениң шағым ҳǝм қарсылықларыма қарамай, ҳеш нǝрсе ɵзгермеди ҳǝм мен Қудайдан оның дыққатын шаңарағына қаратыў ушын сорап дуўа еттим. Қудай буннан да кɵбирегин иследи. Сонлықтан ɵзгерис мен күткеннен де кɵбирек болды. Ҳаялларға қарағанда, еркеклер кɵп жақсы досларға ийе болмайды, себеби олар бǝрҳа ҳǝмели менен бǝнт ҳǝм олар дослар арттырыўға да урынбайды. Бул жерде дуўа жǝрдем бериўи мүмкин. Күйеўиң исениўши болмаса да, сен оның исениўши дослары пайда болыўы ушын дуўа етиўиң мүмкин. Мениң жақын достымның күйеўи Қудайды билмейтуғын еди, бирақ бизлер оның жумысындағы исениўши адамлар менен қатнаста болыўы ушын кɵп дуўа еткен едик. Бул адам ҳақыйқый исениўши адамлардың арасында болатуғындай етип, Қудай ҳǝммесин келистирди ҳǝм бизлердиң қуўанышымызға себеп болды. Күйеўиңниң барлық: ата-анасы, инилери ҳǝм қарындаслары, ǝжапалары, ǝжағалары, дайылары, кǝсиплеслери ҳǝм қоңсылары менен бирге қарым-қатнасы ушын дуўа ет. Биреў менен қатнаста болғанда, ашыўланып, кек сақлаўына жол қаймаўы ушын Қудайдан сорап дуўа ет. #### ДУЎА Қудайым, ол (күйеўиңниң аты) жүрегин аша алатуғындай оның жақсы исениўши дослары болыўы ушын сорайман. Олар даналыққа ийе ҳǝм жағыныў сɵзлерин емес, ал тек ҳақыйқатты айтатуғындай болсын (Сулайман. нақ. мақ. 28:23 — қа қараң). Күйеўиме даналық бер ҳǝм адамларды айырып билиўи ушын жǝрдем бер (Коринф. 1-х 5:13 — қа қараң). Оған исениўши адамлар менен дос болыўдың артықмашлығын кɵрсет ҳǝм олар менен бирге болыўды қызықлы ет. Жүректен сɵйлесиўимиз ушын бизлерге исениўши шаңарақлар менен танысыў мүмкиншилигин бер. Шаңарағының, қоңсыларының, танысларының ҳǝм бирге ислеўшилериниң ҳǝр бири менен қатнасы жақсы болыўы ушын дуўа етип сорайман. Бүгин мен (адамның аты) менен қатнастың жақсыланыўы ушын сорайман. Олардың арасында жақсы қатнасты жарат. Урыс болған жерде жарасыў да болсын. Ҳǝммеси тынышлық жолы менен орынлансын. Ɵмири узақ ҳǝм жарылқанған болыўы ушын күйеўим ата-анасын сыйлаўы ушын сорайман (Шығыў 10:12 — қа қараң). Оған кеширимли болыўды ҳǝм кек сақламаўды үйрет. Қудайым, Сен «бирақ, туўысқанын жек кɵриўши қараңғылықта болады. Ол қараңғылықта жүрип, қаяққа баратырғанын билмейди. Ɵйткени қараңғылық оның кɵзлерин соқыр еткен» (Юхан. 1-х 2:11), — деп айттың. Күйеўимниң кɵзи жаўызлықтан соқыр болып қалмаўы, ал бǝрҳа кеширип билиўи ушын ɵтинип сорайман. Ол ҳеш кимди жаман кɵрип, ҳүким етпесин, ал «ҳǝммемиз де Қудайдың ҳүким гүрсиси алдында жуўап беретуғынымызды» (Рим. 14:10 — қа қараң) есте тутсын. Душпанын сүйип, қуўдалағанлар ушын дуўа етиўине жǝрдем бер (Матта 5:44 — қа қараң). Мен Сеннен ɵтинемен, маған оның жақсы досты болыўыма жǝрдем бер. Бизлердиң дослығымыз бǝрҳа беккемленсин ҳǝм ол да ҳақыйқый дос болыўды үйренсин. ##### СЕНИҢ ДУЎАҢДЫ ҲƎРЕКЕТКЕ КЕЛТИРИЎГЕ ЖƎРДЕМ БЕРЕТУҒЫН МУХАДДЕС КИТАПЛЫҚ АЯТЛАР Бир-биримизге ғамхор болып, бир-биримизди сүйиспеншиликке ҳǝм жақсы ислер ислеўге руўхландырайық. Айырым адамлардың ǝдетке айналдырғанындай, жыйналысларымызды қалдырмайық. Керисинше, Ийемиз келетуғын сол күнниң жақынлағанын билип, бир-биримизди еле де кɵбирек жигерлендирип барайық. (Еврей 10:24-25) Сонлықтан, егер сен қурбанлығыңды қурбанлық шалынатуғын орынға алып келгениңде, жақын адамыңның саған ɵкпели екени сол жерде есиңе түссе, қурбанлығыңды сол жердиң алдында қалдырып, ǝўели жақын адамыңа барып, оның менен жарасып ал! Соңынан қайтып келип, қурбанлығыңды Қудайға бер. (Матта 5:23-24) Бирақ Қудайдың Ɵзи нурда болғаны сыяқлы, бизлер де нурда жүрсек, бир-биримиз бенен қарым-қатнаста боламыз ҳǝм Оның Улы Ийсаның қаны бизлерди ҳǝр қандай гүнадан тазалайды. (Юхан 1-х 1:7) Абайлы болыңлар! Егер туўысқаның саған қарсы гүна ислесе, оған ескертиў жаса. Егер гүнасын мойынласа кешир. Егер ол саған қарсы бир күнниң ишинде жети рет гүна ислесе, жети рет те саған келип: «гүнамды мойынлайман» десе, оны кешир». (Лука 17:3-4) Сизлерге жаңа буйрық берип атырман: бир-бириңизди сүйиңлер! Мен сизлерди сүйгеним сыяқлы, сизлер де бир-бириңизди сүйиңлер. Егер бир-бириңизди сүйсеңлер, сизлердиң Мениң шǝкиртлерим екениңизди ҳǝмме усы арқалы билип алады. (Юхан 13:34-35) # 18-БАП ## ОНЫҢ ƏКЕЛИГИ Мен Майклдан ҳǝммесинен бетер неден қорқатуғынын сорағанымда, ол басқа нǝрселерге қарағанда, ǝкелик ўазыйпасын орынлай алмаўынан жүдǝ қорқатуғынын мойынлады. «Бул қорқыныш барлық еркеклерде бар. Бизлер жумыс пенен бǝнт болғанымыз ушын балаларымыздың алдында ɵзимизди айыплы сеземиз. Бизлер ǝкелик ўазыйпамызды орынлай алмаймыз ямаса жаман орынлаймыз деп қорқамыз, олар менен тил табыса алмаймыз сол себепли олардың кɵз алдында заманагɵй болып кɵринбеймиз», — деп айтты. Күйеўимниң буны мойынлаўы, менде оның жақсы ǝке болыўы ушын дуўа етиў сезимин оятты. Мен дуўаларымның жǝрдеминде, оның ɵзгерип атырғанын, балалар менен қатнаста шыдамлырақ ҳǝм ɵзиниң ǝкелик ролинде исенимлирек бола баслағанын кɵрдим. Ол балалардың арасында ɵзин еркин сезип, олар менен бирге қатнаста болыўдан қуўаныўды үйренди. Тǝртип орнатыў ўақытларында оны бурынғыдай ашыў баспады. Бүгинги күнде Майкл балаларының кемшилиги бǝрҳа ǝкесиниң минсиз емеслигиниң себеби емеслигин түсинди. Бул рольде ɵзиниң жеке кемшиликлери ҳǝм жарамсызлығы ҳаққындағы ойлар себепли кɵплеген ǝкелер «артқа шегинип», балалар менен тил табысып кетиўди артта қалдырады, пассив болып, балаларының ɵмиринде кейинги орынларға түсип қалады. Ɵзиниң ɵмиринде қандай да жеңилисти басынан ɵткерген еркеклер ушын бул жүдǝ аўыр. Ҳаялларда да айырым ўақытлары ана ролинде кемшиликлерин сезиў болады, бирақ олардың биреўи де балаларын умытып, оларды таслап кетпейди. Буның себеби бизлердиң баланы кɵтергенимизден баслап олардың ɵмири менен байланыслы болыўымызда. Бизлер оларды қурсағымызда алып жүремиз, бɵпе ўақтынан баслап қараймыз, олардың ɵмирин, тǝрбиясын басқарып, оларды қатты жақсы кɵремиз. Олар менен бирлик сезимимиз ɵмир бойы бизлер менен бирге болады. Əкелер бундай имканиятқа ийе емес, себеби балалары ушын ɵзин жат адамдай сезеди. Қала берсе, еркеклер азаннан кешке дейин жумысы менен бǝнт болады ҳǝм ǝкелик сезимин онша сезбейди. Бул жерде де дуўа жǝрдемге келиўи мүмкин. Ɵмириңизде биреўдиң дуўаларынан кейин ояныў пайда болып, дурыс шешим қабыллаған, мүтǝж нǝрсеңиз орынланған ўақытлар болды ма? Менде бундай жағдайлар жүдǝ кɵп болды. Егер бизлер күйеўимиздиң ǝке роли ушын дуўа етсек, олар менен де усы жағдай жүз бериўи мүмкин. Бизиң дуўамыз гүманды жеңиўде, жуўапкершиликтиң қыйыншылықларын кɵтериўде, ǝкениң ролин туўры түсиниўиңде ҳǝм жүрегин Мухаддес Руўхқа ашыўына жǝрдем береди. Мениң күйеўим дуўаларымның оған ҳǝрекет етиўдиң анық усылын кɵрсеткен бир ўақыяны еслейди. Жети жасар баламыз Крис ɵтирик сɵйледи. Бизлер оның буны мойнына алып, жүректен тǝўбе қылыўын қǝледик, бирақ буны қалай ислеўди билмедик. Майкл оған урысқысы келди ҳǝм меннен дуўа етиўди илтимас етти. Мен дуўа етип атырғанымда, ол не ислеў кереклигин анық кɵрди. Баламыздың кɵзинде ол үшмүйешликти кɵрди. Оның үш тǝрепинде жайласқан шайтанның, Қудайдың кɵринисин ҳǝм Кристиң сүўретин кɵрди. Кейин Майкл шайтанның ҳǝм Қудайдың нийетин сүўретледи. Ол Криске ɵтирик жолының қандай қǝўипли екенин ҳǝм оның шайтанға алып баратуғынын ҳǝм бул Қудайдан кем-кемнен узақластыратуғынын кɵрсетти. Бул кɵринис балаға тǝсир еткени соншелли, ол жылап, ɵтирик сɵйлегенин мойнына алып, шын жүректен тǝўбе етти. Қудай инам еткен ҳǝрекетлерин толық түсинбегенинде, Майкл баланың жүрегине терең кире алмайтуғыны ҳаққында маған айтты. Жақсы ǝке болыўды қǝлеўде еркеклер ушын аспандағы Əкениң үлгиси жақсы сабақ бола алады. Ол Қудай менен қанша кɵп қатнаста болып, Оған уқсап ɵзгерсе, балаларына сонша дǝрежеде жақсы тǝсир етеди. Ол ǝкениң жүрегин алады, себеби ол Əкесиниң жүрегин кɵрип тур. Егер күйеўиң жердеги ǝкеси менен жақсы қатнаста болмаған болса, бул оған жеңил болмайды. Еркектиң ǝкеси менен қатнасы оның Қудай менен қатнасында ɵз тǝсирин қалдырады. Егер ǝкеси оны қашан болса да таслап кеткен болса, онда ол да Қудай таслап кетеди деген қорқыныш пенен жасайды. Егер ǝкеси оған бийпǝрўа болған болса, ол Қудайдың да бийпǝрўа болўына гүманланады. Ол жердеги ǝкесиниң сүйиспеншилигине гүманланса, Аспандағы Əкениң де сүйиспеншилигине гүманланады. Егер ол жердеги ǝкесине ашыўланған болса, Қудайға да сондай ислеўи мүмкин. Əкеси менен байланыслы ɵмириниң ɵткен ўақыялары, Қудайға ҳǝм Оның сүйиспеншилигине баратуғын жолында тосқынлық етиўи мүмкин, ал бул балалар менен қатнасына тǝсирин тийгизбей қоймайды. Күйеўиң Аспандағы Əкесин шақырыў ушын жүрегин ҳǝм ойын толтырып турған түрли надурыс ойлардан қутқарылыўы ушын дуўа ет. Оның Əкеси келтирген жараларын шыпалаўын Қудайдан сора. Мухаддес Китап: «Ким ата-анасын ғарғаса, оның шамы қараңғылықта ɵшип қалады» (Сулайман. нақ. мақ. 20:20), — деп айтады. Ол ǝкесин шын жүреги менен кеширмесе, ɵзи де жақсы ǝке бола алмайды. Оның ǝкеси тири ме, тири емес пе, буның ǝҳмийети жоқ. Əҳмийетлиси, жеке ɵзиниң жүрегинде не нǝрсе болып атырғанында. Оның Аспандағы Əке менен қатнасының раўажланыўына ҳеш нǝрсе кесент етпеўи ушын оның жердеги ǝкеси менен қатнасы ɵзгериўи ушын дуўа ет. Еркеклер, кɵбинесе, балаларының ɵмиринде ɵзиниң ролиниң ǝҳмийети ҳаққында ойламайды ҳǝм ɵзлерине тек шаңарақты материаллық жақтан тǝмийинлеў булағындай қарайды. Бирақ, баланың ɵмиринде ǝкениң тǝсирин баҳалаў мүмкин емес. Оның балаларға қатнасы, олардың қандай жолды таңлаўына тǝсирин тийгизеди: жақсылық жолын ба я жаманлық жолын ба? Буннан оның ɵмири де ғǝрезли, себеби, егер ол ǝкелик ўазыйпасын орынлай алмаса, жеке кемтарлығы бǝрҳа изинен жүреди. Егер ол жақсы ǝке бола алса, бул оның ǝўмети ɵмириниң ǝҳмийетли белгиси болады. #### ДУЎА Қудайым, күйеўиме жақсы ǝке болыўды үйрет. Онда Сениң еркиңе сай емес ҳǝмме нǝрсени туўрыла, оның руўхый жараларын шыпала ҳǝм ǝкесин кешириўине жǝрдем бер. Оған Ɵзиңниң ашылысыңды бер ҳǝм оның жүрегине Сени Аспандағы Əкедей кɵриў қǝлеўин бер. Сениң менен бирге қатнаста болыўы ушын Оны Ɵзиңе қарат. Сенде Əкениң сүйиспеншиликли жүрегин кɵрсин. Оның жүреги де балаларына усындай сүйиспеншилик пенен толсын. Балаларын туўры жолға салғанда, мийримлилик кɵрсетиўди үйрет. Оған Сениң үлгиң бойынша жүриўин: балалардан тыңлаўды талап етиў, тǝўбе еткенин қоллаў, егер балалары қǝте ислеп қойған болса, оларды жазалаўды үйрет. Баласын сүйген ǝке, оны ǝдил жазалайтуғыны ҳаққында ҳақыйқатлықты оған аш (Сулайман. нақ. мақ. 13:24 — қа қараң). Ол бǝрҳа: «Балаларыңыздың ашыўын келтирмеңлер. Оларды Ийемиздиң тǝлим-тǝрбиясы менен ɵсириңлер» (Ефес 6:4 — қа қараң), — деген қағыйданы есинде тутсын. Ол ҳеш қашан жаўыз, суўық, қатаң, сɵйлеспейтуғын, ҳǝлсиз, наразы ҳǝм бийпǝрўа ǝке болмаўы ушын оған балалар менен қатнас қылыўды үйрет. Оған сүйиўши, мийримли, жǝрдем беретуғын, күшли, исенимли, түсиниўши ҳǝм шыдамлы болыўды үйрет. Оның кɵриниси балаларында узақ ҳǝм шадлы ɵмир сүриўи ушын оны ǝке сыпатында ҳүрметлеў сезимлерин оятсын. Қудайым, балалар бизлердиң руўхый байлығымызды мийрас ететуғынын билемен ҳǝм оның мийрасы Сениң Мухаддес Руўхыңа толы болсын. Оған Сениң ўǝсиятларыңды орынлаўдың үлгиси болыўға жǝрдем бер. Ол балалары ушын қуўансын ҳǝм Сениң жолыңда оларды беккемлеўге талпынсын. Ол жақсы ǝке болыўды қǝлейди, Оның жүрегиндеги бул қǝлеўди орынлаўыңды Сеннен ɵтинип сорайман. ##### СЕНИҢ ДУЎАҢДЫ ҲƎРЕКЕТКЕ КЕЛТИРИЎГЕ ЖƎРДЕМ БЕРЕТУҒЫН МУХАДДЕС КИТАПЛЫҚ АЯТЛАР Қартайған адамның тажы-бул ақлықлары, балаларының даңқы-олардың ата-аналары. (Сулайман. нақ. мақ. 17:6) Əке жақсы кɵрген улын жазалағаны сыяқлы, Қудай да сүйген адамын жазалайды. (Сулайман. нақ. мақ. 3:12) Əдил адам ǝкесиниң басын аспанға кɵтереди, дана перзент болса оны қуўандырады. (Сулайман. нақ. мақ. 23:24) Улыңа тǝрбия бер: ол саған тынышлық береди ҳǝм жүрегиңди шадлыққа толтырады. (Сулайман. нақ. мақ. 29:17) Жǝне де, ҳǝмме нǝрсеге қүдиретли Қудай Ийемиз былай дейди: «Мен сизлерге Əке боламан, сизлер Мениң ул-қызларым боласызлар. (Коринф. 2-х 6:18) # 19-БАП ## ОНЫҢ ƟТМИШИ Майкл 19 жасында күшли нерв ҳǝкислениўин басынан ɵткерди. Сол ўақытта ол колледждиң талабасы еди. Ол бир нǝрселерди ойлап шығарып, оны қайта ислеп, күндиз ҳǝм кеште жергиликли клубларда пианинода ҳǝм барабанда ойнайтуғын еди. Оның ɵмири қызғын ҳǝрекетте ɵтти. Ол аз уйықлайтуғын ҳǝм нǝтийжеде қатты шаршаған еди. Ол жақсы дем алыўы ушын шаңарағының шыпакери оны сол жердеги жиллиханаға жатқарыўды усыныс етти. Кейин оның анасы маған, ɵзи де, шыпакер де бул шешимди қабыллағанына ɵкингенин айтты, бирақ олар сол ўақытта албырап, не ислеўди билмеген еди. Майкл ушын сол еки ҳǝптелик «дем алыў» ɵмириндеги қорқынышлы кɵринислердиң бири болды. Ол жерде кɵрген нǝрселери оны жарақатлады ҳǝм «тǝғдириме жазылғаны усы», — деген қорқынышлы ойлар оны исендирип таслады. Колледжге қайтқаннан кейин оны жеңиллетилген оқыў дизимине ɵткерди, бирақ, оның қорқынышлары жоқ болмады. Турмыс қурғанымыздан кейин Майкл қатты шаршағанлықтан сол ўақыттағы аўҳалына бир неше рет қайтқан еди. Жас ўақтында басынан кеширгенлерди еслеў оны тынышына қоймады. Оның ойында бǝрҳама қорқынышлы сɵзлер тǝкирарланып турар еди: «Сен буннан ҳеш қашан шыға алмайсаң. Сен ɵмириңди жиллиханада тамамлайсаң». Бундай ўақытларда оның ɵзи айтқанындай, оған мениң дуўаларым кɵбирек керек еди. Мен бǝрҳа оның азат ететуғын ҳақыйқатты билиўи ушын дуўа етемен (Юхан 8:32 — қа қараң). Мен Қудайдан оны ɵтмишинен азат етиўин сорадым. Бул узақ даўам ететуғын процесс еди, бирақ мен дуўа еткенимде, айырым нǝрселер ɵзгеретуғын еди. Бизлер ɵтмиште жасамаўымыз керек, бирақ бизлер олардан сабақ алыўымыз керек. Бизлер «изде қалғанларды естен шығарып» ҳǝм «Қудайдың Ийса Масих арқалы шақырған аспандағы ɵмирине ерисиў ушын, мен белгиленген мақсетке» жетиўге «тырысыўым» керек (Филип 3:13-14 — қа қараң). Қудай Қунын тɵлеўши ҳǝм Қайта жаратыўшы, бизлер Қудайдың ɵмиримизде усы еки рольде де болыўына имканият жаратыўымыз керек. Ол ɵтмишти тазалап, жоғалтқан нǝрселеримизди тиклеўи мүмкин. Ол бизлердиң жоғалтқан нǝрселеримизди қайтарыўы мүмкин (Забур 89:15 — қа қараң). Бизлерден тек Оның буны ислеўине исениўимиз талап етиледи. Егер бизлер ɵтмишке жабысып алсақ, Қудайдың таярлаған келешегине қарай ҳеш қашан қозғала алмаймыз. Күйеўиңниң ɵтмиши тек оның ɵзине ғана емес, ал урпақларына да тǝсирин тийгизеди. Балаларымызға бизлерден тек шашымыздың ҳǝм кɵзимиздиң реңи мийрас болып қоймай, ал ажырасыў, ашыў, қорқыныш ҳǝм аўыр жүгимизден де оларға мийрас қалады. Бул еле ҳǝммеси емес. Бул аўырманлықтан азат болып, бизлер балаларымызды да олардан азат етемиз. Ɵтмишке күнде қайтып, бизлер Қудайдың таярлаған келешегин кɵриў мүмкиншилигинен ажыралып қоймастан, бул мүмкиншиликтен балаларымызды да айырамыз. Бǝлким, күйеўиңниң ҳǝзирги ўақтына тǝсирин тийгизиўши оның ɵтмиши балалығында болған шығар. Балалығымызда болған жаман нǝрселер ҳǝм болмаған жақсы нǝрселер ɵтмиштен келип, бизлердиң аўҳалымызға тǝсир етеди. Қапа қылатуғын сɵзлер, ата-аналары ямаса ɵзи менен жасы тең балалар қойған жек кɵретуғын («семиз», «жилли», «кɵримсиз», «ақмақ» ҳ.т.б сыяқлы) атлар оның мийине тǝсир етеди. Олардың тǝсирин ол ɵспиримлик дǝўиринде де сезеди. Егер ɵтмиштиң аўырманлығын таслаўға күшимиз жетпесе, онда бизлер дуўа етиўимиз керек, себеби адам ɵмир бойы бул нǝрсеге кɵниўи керек емес. Қудай бизлерге қутқарылыў ушын бǝрҳа сораўымыз мүмкин екенин айтады. Егер бизлер Оның ҳақыйқатын жǝриялап, Оның жолында жүрсек, ɵтмиштен қутқарыламыз. Бирақ, бул бǝрҳа тез бола бермейди, себеби алдыңғы ɵмирден азат болыўдың белгиленген дǝрежелери бар. Сениң күйеўиң ɵтмиштен азат болдым деп ойлаған ўақтында, тосаттан ол қайтып келип, ҳǝммесин тазадан баслайды. Оған түскинлекке түспеўинде жǝрдем бер. Егер ол ɵмирин Қудай менен бирге ɵткерип атырған болса, онда Қудай оны тереңирек азатлық дǝрежесине алып ɵтеди ҳǝм бул жерде күйеўиңе дуўаларың жǝрдем береди. Ɵтмиштен қутылыў тез болыўы мүмкин, ал айырым ўақытлары Қудайдың нийетине байланыслы басқышпа-басқыш ɵтиўи мүмкин. Сен бул жерде ўақытты белгилей алмайсаң, сен күйеўиңниң ɵз ɵтмишинен келген даўысты қадағалап, оларды тыңламаўы ушын қанша керек болса, сонша дуўа етиўге шақырылғансаң. #### ДУЎА Қудайым, мен Сеннен оны (күйеўиңниң аты) ɵтмишинен толық азат етиўиңди сорайман. Оны ɵтмиштен ғǝрезли болыўдан азат ет. Оны бурынғы ɵмир жолынан, яғный денениң жаман қǝлеўлери себепли шириген ески тǝбиятынан ўаз кешиўине жǝрдем бер ҳǝм оның ой-пикирин жаңала (Ефес 4:22-23). Ол Сениң ҳǝмме жаңа нǝрсениң Жаратыўшысы екениңди түсинсин (Аян 21:5 — қа қараң). Мухаддес Руўх оған жаңа жолды кɵрсетсин ҳǝм ɵзиниң жаман тǝжирийбесине жаңадан қараўды үйренсин. Сениң ҳǝм ɵтмиштиң даўысын айырып билиўи ушын, оған Масихтың ақылын бер. Оларды еситкен ўақтында турып, Сениң ҳақыйқый сɵзиң менен оларды үндемеўге мǝжбүрлесин. Кек алыў ҳǝм ɵкпелеўлерди қалдырыўы ушын оның жүрегин мийримлилик ҳǝм сүйиспеншиликке толтыр. Оның ɵтмиши ол ушын келешегине тǝсирин тийгизбейтуғын сабақ болсын. Мен ɵтинемен, оны түрли аўыр еслеўлерден қутқар ҳǝм ол ҳеш қашан оған тǝсирин тийгизбесин. Оның қайғысын шыпала (Забур 146:3 — қа қараң), оның руўхын беккемле (Забур 22:3 — қа қараң), оның ɵмиринде қайталанбаўы ушын күйеўимди ɵтмиштеги аўыр жүклерден азат ет ҳǝм бул тек ғана ол ушын сабақ болып қойсын, оны ɵзиң таярлап қойған келешекке алып бар. ##### СЕНИҢ ДУЎАҢДЫ ҲƎРЕКЕТКЕ КЕЛТИРИЎГЕ ЖƎРДЕМ БЕРЕТУҒЫН МУХАДДЕС КИТАПЛЫҚ АЯТЛАР Ɵтмишти еслемеңлер, буннан былай баяғыны ойламаңлар. Енди Мен жаңа нǝрсени жаратаман, ҳǝзир ол жарыққа шығайын деп тур. Сизлер буны түсинбейсизлер ме? Мине, Мен шɵлистанлықта жол саламан, шɵл даладан булақлар ағызаман. (Ийшая 43:18-19) Солай етип кимде-ким Масих пенен байланысқа ийе болса, ол жаңа жаратылыс. Ески нǝрселер ɵтип кетти, енди ҳǝммеси жаңа болады. (Коринф. 2-х 5:17) Сол себептен бурынғы ɵмир жолыңыздан, яғный денениң жаман қǝлеўлери себепли шириген ески тǝбиятыңыздан ўаз кешиңлер. Ой-пикирлериңизди ҳǝм руўхыңызды жаңалап, шын ҳақлық ҳǝм мухаддеслик пенен, Қудайға уқсатылып жаратылған жаңа адам болыңлар. (Ефес 4:22-24) Сонлықтан, руўхымызды түсирмеймиз. Бизлердиң кɵринетуғын денемиз тозып баратырған болса да, ишки дүньямыз күннен-күнге жаңаланып атыр. (Коринф. 2-х 4:16) Қудай олардың барлық кɵз жасларын сүртип таслайды. Енди ɵлим де, қайғы да, жылаў да, азап та болмайды. Себеби бурынғылар ɵтип кетти. (Аян 21:4) # 20-БАП ## ОНЫҢ МИНЕЗИ Кейпияты жаман адам менен сɵйлесиў кимге унайды? Ɵмир бǝрҳа басқалардың арзын еситпегенниң ɵзинде қыйын. Мен барлығы жақсы болса да, бǝрҳама ҳǝммеге наразы болатуғын еркекти билемен. Ол ҳǝмме нǝрсеге ҳǝм ҳǝммеге ашыўы келеди. Ол жақсы хабар естикенинде, бǝрибир бақырыўға бир себеп табады. Тилекке қарсы, бундай ҳǝрекет балалықтан басланады, соның ушын бундай минезди ɵзинде мийрас етип алды деп есаплаў мүмкин. Оған ҳеш ким қуўаныўды үйретпеген кɵринеди, бирақ ɵзиниң ɵтмишиниң келешегине тǝсир етиўине жол қойып, ол ɵзи таңлады. Усының себебинен ɵзи де, ǝтирапындағы адамлар да бахытлы бола алмайды. Кимниң бундай болғысы ямаса усындай адамның қасында жасағысы келеди? Маған бул машқала жүдǝ таныс ҳǝм мен жаман минезли адам ушын дуўа етиў қандай екенин исенимли айтыўым мүмкин. Биреўдиң жаман минезине ашыўланбаўды үйрениўим ушын ҳǝм ол ушын дуўа етиўге маған кɵп ўақыт керек еди. Бирақ, бундай күш салыў бǝрҳа нǝтийже алып келеди ҳǝм мен сезилерли дуўам арқалы жǝрдем бериўди даўам етемен. Адамлардың жүреклерине қуўаныш руўхы кириўи ушын дуўа еткен ўақтымда, мен болатуғын ɵзгерислерди кɵретуғын едим ҳǝм ɵзимниң де, ол адамға қатнасым ɵзгеретуғын еди. Кеўилсиз, ашыўлы, адамды кешире алмайтуғындай сийрек ушырасатуғын минезлер ɵзлериниң тамырына ийе. Ол Қудайдың сүйиспеншилигин қабыллағысы келмегеннен ҳǝм ɵзлериниң ɵжетлигинен усындай болып қала береди. Мухаддес Китап бул сезимди ɵзимиз қǝлеўимиз бенен жүрегимизге киргизетуғынымызды (Забур 100:4 — қа қараң), ɵзимиз жүреклеримизди жаўыз қылатуғынымызды ҳǝм Қудайдың сүйиспеншилиги ушын жабылыўымызды (Сулайман. нақ. мақ. 28:14 — қа қараң) айтады. Бизлер кейпиятымызды ɵзлеримиз таңлап аламыз. Қудайдың сүйиспеншилигин қабыллаў я қабыл алмаўды ɵзлеримиз шешемиз. Қудайға миннетдаршылық билдириў сезимин толтырыўды ɵзимиз шешемиз. Егер күйеўиң бǝрҳа жаман кейпиятта жүрсе, бул ең ǝўметли некени де бузады, ал ǝўметсизи болса буннан да бетер жаман болады. Болып атырған жағдайға қарсылық қылсақ, ол ɵмиримиздиң ҳǝммесин бузады. Сен күйеўиңниң еркин басқара алмайсаң, бирақ сен оны Қудайдың ерки менен жүриўи ушын дуўа ете аласаң. Оның жүреги тазаланыўы ушын дуўа ет, себеби Мухаддес Китап, жүреги таза адамлар Қудайды кɵреди деп ўǝде береди (Матта 5:8 — қа қараң). Оның жүреги қуўаныўы ушын ҳǝм жүзинде қуўаныштан нур шығып турыўы ушын дуўа ет (Сулайман. нақ. мақ. 15:13 — қа қараң). Ким күйеўин Қудай менен бирге қуўанып, бахытлы болыўын қǝлемейди? Оның жүреги алғыс, миннетдаршылық, сүйиспеншилик, қуўанышқа толыўы ушын дуўа ет, себеби «жақсы адам кеўлиндеги жақсы ғǝзийнесинен жақсылық шығарады» (Матта 12:35 — қа қараң). Егер дǝслепки ўақытларда үлкен ɵзгерислер болмаса да, оның жүреги сениң дуўаларың арқалы ǝлбетте жумсарады. Оның кейпиятының жақсыланыўын күтип, сен ɵзиңниң кейпиятыңның жақсыланып атырғанын кɵресең. #### ДУЎА Қудайым, бугин оны (күйеўиңниң аты) Сениң сүйиспеншилигиңе ҳǝм тынышлығыңа толтыр. Оның жүрегин тынышлық ҳǝм қанаатланыў сезими толтырсын, себеби оның ɵмири денениң емес, ал Сениң қадағалаўың менен ɵтип атыр. Оған Сениң кɵз алдыңда «үйинде таза жүрек пенен жүриўине» жǝрдем бер (Забур 100:2 — қа қараң). Оған Ɵзиңниң руўхыңның сǝўлесин түсир ҳǝм оны сүйиспеншилигиңе толтыр. Оның жүрегин жақсылық ҳǝм шыдамлылыққа толтыр, барлық жаман нǝрселерин алып тасла. Оған ҳǝмме нǝрсени кɵтериўге жǝрдем бер ҳǝм «ҳǝр дайым исенип, кɵп нǝрсеге үмит етип, ҳǝммесине шыдаўға» үйрет (Коринф. 1-х 13:7). Оның руўхы қайғыға айналмаўы ушын оны ашыў, ғǝзеп, қǝўетер, тынышсызлық, ишки гүрес ҳǝм тǝсирлерден азат ет (Сулайман. нақ. мақ. 15:13 — қа қараң) ҳǝм оның жүреги шадлыққа толсын (Сулайман. нақ. мақ. 15:15 — қа қараң). Оған қуўаныш руўхын бер. Оны қǝўетерлениўден азат ет ҳǝм Ɵзиңе деген миннетдаршылық билдириў сезимин бер. Ол: «Мен ɵзимде барына шүкирлик билдирип үйрендим» (Филип 4:11 — қа қараң), — деп айтатуғын болсын. Бүгин мен оған (күйеўиңниң аты): «Қудай сени жарылқасын. Қудай Ɵзиниң жарық жүзин саған кɵрсетсин ҳǝм сениң гүнаңды кеширсин. Қудайым Ɵзиниң жүзин саған қаратып, саған тынышлық берсин!» (Санлар 6:24-25), — деп айтайын. ##### СЕНИҢ ДУЎАҢДЫ ҲƎРЕКЕТКЕ КЕЛТИРИЎГЕ ЖƎРДЕМ БЕРЕТУҒЫН МУХАДДЕС КИТАПЛЫҚ АЯТЛАР Ҳеш нǝрседен тǝшиўиш шекпеңлер. Ал, ҳǝмме нǝрсе ушын Қудайға дуўа етип, ҳǝр бир тилегиңизди Оған шүкирлик пенен билдириңлер. Сонда ҳǝр қандай ақыл-ойдан зыят болған Қудайдың тынышлығы Масих Ийса арқалы кеўиллериңизди ҳǝм ой-пикирлериңизди тазалайды. (Филип 4:6-7) Ислеген барлық гүнаңыздан ўаз кешиң ҳǝм ɵзлериңизге таза жүрек ҳǝм таза руўх жаратың… (Езекиел 18:31) Ɵзин тута алмайтуғын адам, дийўалсыз ўайран болған қалаға уқсайды. (Сулайман. нақ. мақ. 25:28) Егер мен пайғамбаршылық қүдиретине ийе болсам, пүткил сырларды билсем ҳǝм ҳǝр түрли билимге ийе болсам, ҳǝтте, таўларды кɵширетуғын күшли исенимим болса да, бирақ сүйиспеншилигим болмаса, онда мен ҳеш нǝрсе емеспен. (Коринф. 1-х 13:2) Оның дǝрўазасына шүкирлик айтып кириң, алғыслар айтып Қудайдың алдына келиң. Оған шүкирлик билдирип, атын алғыслаң. (Забур 99:4) # 21-БАП ## ОНЫҢ НЕКЕСИ Турмысқа шықпастан алдын, мен ҳǝммесинен бетер болажақ күйеўимниң спорттың қумарпаразы болып шығыўынан қорқатуғын едим. Ɵмир бойы кɵк экран алдында футбол, баскетбол, бейсбол ҳǝм басқа да ойынларды дыққат пенен диванда отырып кɵретуғын адам менен жасаўды ойлаўдың ɵзи, менде жек кɵриўшилик сезимин оятатуғын еди. Ушырасып жүргенимизде, алдын Майклдың спортқа бийпǝрўалығы мени ɵзине тартты. Бул тема оны қызықтырмайтуғындай ҳǝм зериктиретуғындай кɵринетуғын еди. Тойымыздан бир неше жылдан кейин тосаттан, ол спорт фанатына айналып қалғаны мени қандай аўҳалға түсиргенин кɵз алдыңызға келтире аласыз ба? Егер «Чикаго Беарз» командасы утылып атырса, оның менен бирге шаңарағымыз бенен қайғырыўымыз керек еди, ал егер «Кабз» командасы утса, онда бизлер оның қуўаныштан қатты бақырысын еситетуғын еди. Ол ойынды арасында кɵриўге қанаатланбайтуғын ҳǝм ол ҳǝр бир ойынды қалдырмай кɵриўи шǝрт еди. Ол интасыз ышқыпаз емес еди. Ол «Беарз» деген эмблемасы бар футболка, «Кабз» деген эмблемасы бар шапкасын кийетуғын еди ҳǝм олардың ортасында арман-берман жүретуғын еди. Мен оның менен бирге ойынға барыўға ҳǝрекет еттим, бирақ олар мени «хот-догқа» қарағанда азырақ қызықтыратуғын еди, ал оның менен бирге кɵк экранда ойынды кɵриў мен ушын ҳақыйқый азап болып кɵринди. Күйеўим шаңарағы менен қарым-қатнас жасаўға қарағанда, спорт жарысларын кɵргенди жақсы кɵретуғын еди. Некем ушын дуўа еткенимнен кейин, бир неше жылдан соң ɵзгерислер басланды. Белгисиз себеп пенен Қудай мениң сорағанымдай, Майклдан спортқа деген қызығыўшылығын толығы менен алып таслаған жоқ, ал буның орнына Ол мениң жанымды тынышлыққа бɵледи ҳǝм машқалаға мениң қатнасымды ɵзгертти. Қудай бизлерге ɵз-ара келисимге барыўды үйретти. Мен Майклды спорт ойынларын кɵриўден ўаз кешиўи ушын мǝжбүрлемеймен, ал ол болса меннен қызықпайтуғын нǝрсеме қызығыўшылық кɵрсетиўди талап етпейди. Мен оны бундай ҳийле ислегенинде айыпламайман: ол тойдан алдын ɵзиниң қызығыўшылығын айтпаған еди, ал ол да мени ҳеш нǝрседе айыпламайды. Буның ҳǝммеси некелик қатнаста ǝҳмийетсиз болып кɵриниўи мүмкин, бирақ ҳақыйқатында бул нǝрселер некеңниң келешегин, яғный, ол беккем туратуғынын ямаса бузылыўын белгилейди. Биргеликтеги ɵмиримиздиң барлық бɵлимлери ҳаққында дуўа етип, бизлер машқаламызды шешиў жолы сыпатында ажырасыўды толығы менен алып таслаймыз, соның ушын бизлер некемиздиң ǝҳмийетли бɵлимлерине арқайын қарамаўымыз керек. Неке қурғанымыздың биринши күнинен баслап мен ажырасыў ҳǝм некемизде қыянет болмаўы ушын дуўа ететуғын едим. Шаңарағымыздағы бундай ўақыяға орын жоқ болғаны менен, бизлердиң мǝдениятымыз ажырасыў ҳаққында пикирлер менен толған, ал айырым жерлерде бул ǝдеттеги кɵринис болып есапланады. Мен Қудайдан некемди бундай апаттан сақлаўын ҳǝм Ол садық болғаны ушын дуўаларыма жуўап бериўин сорайтуғын едим. Некедеги бирликтиң күши, еки адам ɵзлерин бир-бирине бағышлап, ҳеш нǝрсеге қарамай, ɵзлериниң қатнасын қорғаўда. Бирақ, кɵбинесе ер адам некени басқаша кɵз алдына келтиреди ҳǝм нǝтийжеде, ҳақыйқатқа дус келиў жүдǝ аўыр болады. Тап усындай ўақытта некениң «патшалығы» ɵз-ɵзинен бɵлиниўи мүмкин. Сен қатнасыңыздағы түрли түсиниксизлик ашық болыўы, биргеликтеги ɵмириңиздиң «ушқыр мүйешлери» тегис болыўы, бир руўхта, жақынлықта бирлесиўиңиз ушын бǝрҳа дуўа етиўиң керек. Сениң некең Қудайдың ɵмириңизде болыўын екеўиңиз де қǝлейтуғын орын болыўы ушын (Матта 18:19-20 — қа қараң), ҳеш бириңиз ɵткен некеңиздеги тǝжирийбеңизди биргеликтеги ɵмириңизде қолланбаўыңыз ушын (егер усындай болса) дуўа ет. Бир аяғың менен ɵтмиште турып, келешекке қарай қозғалыў мүмкин емес. Некеңиз сизге ǝжайып болып кɵрингени себепли азғырылмаң, себеби: «…исенимде беккем турман деп есаплайтуғын адам усындай гүналарды ислеўден сақ болсын!» (Коринф. 1-х 10:12 — қа қараң), — деп айтылған. Некеңди бузыўға қǝўип салатуғын адамлардан ҳǝм жағдайлардан қорғаўын сора. Қудайдан қандай жағдай болса да, некеңиздиң пүтинлигин сақлап қалыўын сора. Қудайдан ɵзиңниң некелик ɵмириңди қуўаныш ҳǝм екеўиңиз ушын ɵмир булағы қылыўы ушын дуўа етип сора. #### ДУЎА Қудайым, мен Сеннен ɵтинемен: Мениң некемди ҳǝлсирететуғын ҳǝм бузатуғын нǝрселерден сақла. Оны бизлердиң бийпǝрўалығымыздан ҳǝм қǝўиптен, ɵзге адамлардың жаман нийетлеринен ҳǝм жобаларынан қорға. Бүгин де, келешекте де бизлерге ажырасыў ямаса опасызлық етиў ҳаққындағы ой келмесин. Бизлерди алдыңғы қатнасығымыздағы аўырыўлардан шыпала, жағымсыз еслеўлерден, бурынғы байланыслардан азат ет, бир-биримизди дурыс баҳалаўды үйрет. Жүрегимизди қызғаныш сезиминен ҳǝм оның себепшиси болған ɵзимизди тɵмен баҳалаўдан тазала. Бизлерди түрли қǝўипли қызығыўшылықлар, яғный, мǝскүнемлик, наркотиклер, қǝўипли ойынлар, жаман сүўретлер ҳǝм түрли ғǝрезлиликлер шетлеп ɵтсин. Бизлерди дослық, садықлық, бир-биримизди түсиниўшилик, сақыйлық қатнасықлары менен бирлестир. Бир-биримизге ўақыт ажыратыўымызға ҳǝм бǝрҳа не ушын бирге екенимизди есте тутыўымыз ушын жǝрдем бер. Ол (күйеўиңниң аты) ең алды менен Қудайым, Сени излесин. Бизлердиң сүйиспеншилигимиз күннен-күнге беккемлениўи ҳǝм балаларымыз бизлерден ажырасыў пикирин мийрас етпеўи ушын Сеннен сорайман. ##### СЕНИҢ ДУЎАҢДЫ ҲƎРЕКЕТКЕ КЕЛТИРИЎГЕ ЖƎРДЕМ БЕРЕТУҒЫН МУХАДДЕС КИТАПЛЫҚ АЯТЛАР Биреў болғаннан, екеў болған жақсы, сонлықтан, оларда мийнет ушын жақсы сый бар. Себеби, егер биреўи жығылса, онда екиншиси биреўин сүйейди. Бирақ, сүйейтуғын адам жоқ болса, жығылған адам қайғыға батады. (Ўазшы 4:9-10) Бирақ, соң биреў ислеп, ǝжайып руўхта болмады ма? Биреўи не иследи? Ол Қудайдан урпақ алыўды қǝледи. Демек, ɵзиңиздиң руўхыңызды сақлап ҳǝм ҳеш ким жаслығыңыздағы ҳаялыңызға опасызлық етпесин. (Малахия 2:15-16) Ҳǝммеңиз некеге ҳүрмет пенен қараңлар. Некеңиздиң тɵсеги гүна менен былғанбасын. Себеби Қудай бузықшылық ислегенлерди ҳǝм неке ҳадаллығын бузғанларды ҳүким етеди. (Еврей 13:4) Сондай-ақ, егер еки адам жатса, оларда жыллылық болады, ал бир адам қалай жылыйды? (Ўазшы 4:11) Ал некеде болғанларға мен мынаны буйыраман, анығырағы мен емес, Ийемиз солай буйырған: ҳаял адам күйеўи менен ажыраспасын. Егер ажырасса, я күйеўсиз қалсын, я ɵз күйеўи менен жарассын. Ер адам да ҳаялы менен ажыраспасын. (Коринф 1-х 7:10-11) # 22-БАП ## ОНЫҢ СЕЗИМЛЕРИ Дон ɵзиниң шаңарағын «ғǝзеп ҳасасы» менен басқаратуғын еди. Оның барлық жақынлары, оның ғǝзеби қайнаўынан қорқып, оның барлық талапларын сүйиспеншиликке қарағанда, қорқыныштан тезирек ислейтуғын еди. Бирақ, ҳǝммеси оның ҳаялы Дженни буларға шыдаў керек емес екенин түсингенинде, ɵзгере баслады. Қудайға да бундай жағдай унамайды: «Ашыўшақ пенен досласпа, қызба адам менен бирге жүрме. Болмаса сен де олардың жолына түсип қаласаң ҳǝм жаныңды дозаққа илиндиресең» (Сулайман. нақ. мақ. 22:24-25). Дженни адамды жақсы кɵриў, бирақ оның гүнасын қаралаў мүмкин екенин түсинди ҳǝм Дон ушын жалғыз ɵзи ҳǝм топар менен бирге дуўа етиўге киристи. Ол оның минезиниң жумсарыўы ҳǝм Мухаддес Руўхқа толыўы ушын дуўа етти. Оның дуўалары жеке ɵзиниң қылықларын кɵриў ушын күйеўиниң кɵзин ашып қоймастан, ɵзгериў ушын күш-қуўат та берди. «Жасырын берилген саўға ашыўды басады…» (Сулайман. нақ. мақ. 21:14). Күйеўиниң ашыўына қарсы ҳаялының ең жақсы «сырлы қуралы» — бул оның дуўалары. Чадты кɵп жыллық асқынып кеткен жаман кейпият қыйнайтуғын еди. Ɵзиниң тǝбийий оптимистлигине қарамай, оның ҳаялы Мерилин де оның жағымсыз сезимлериниң тǝсирине түсти. Бирақ, Даўыт патшаның сынақлары ҳаққында оқып, ол ɵзиниң ҳǝм күйеўиниң сезимлери арасында кɵп нǝрсе бир екенин кɵрди: «Себеби мениң жаным апатлар менен толы ҳǝм мениң ɵмирим ақырына жетти. Мен қǝбирге түсетуғынлар менен теңлестим. Мен күшсиз адам болдым» (Забур 87:4-5). «Ɵзимниң ақылсызлығым себепли, жараларым ириңлести. Мен ийилип, шɵгип қалдым ҳǝм күни бойы қайғыланып жүремен» (Забур 36:6-7). Мерилин терең қыйыншылыққа қарамай, Даўыт ɵзиниң үмитин Қудайдан тапқанын ҳǝм ɵзиниң апатларын билгенин кɵрди: «Қудайым! Жанымды дозақтан қайтардың. Қǝбирге кирмеўим ушын маған ɵмир бердиң» (Забур 29:4); «Сениң мийримиң ушын шадланып қуўанаман, себеби Сен мениң бийшаралығымды кɵрдиң ҳǝм жаным азапқа қалғанын сездиң» (Забур 30:8). «Жаныма жақынырақ келип, оны қутқар…» (Забур 68:19 — қа қараң). Ол Қудайдың Чадқа жаны ашығанын сезди ҳǝм бул түсиник оның жүрегинде күйеўиниң жаман кейпияттан азат болыўы ушын оның дуўасы гилт бола алады деген үмит пайда болды. Мерилин Чадқа ол ушын дуўа етиўди баслағанын айтты ҳǝм ɵзлериниң сезимлери ҳаққында айтып бериўин сорады. Биринши күннен баслап-ақ олар екеўи де, дуўа басланғаннан кейпияты жақсыланатуғынын сезе баслады. Кɵп ўақыт ɵтпей дуўаның тǝсириниң кɵрингенлиги соншелли, Чад та буған қарсы шықпай, ҳаялы менен бирге дуўа етти. Сол ўақыттан баслап оның жумыслары жақсылана баслады. Ол ɵзин қолға алыўды үйренди. Мерилин менен Чад Қудайға Чадты толық шыпалаўын исенип тапсырыўды шешти. Ғǝзеп ҳǝм түсиңки кейпият-бул екеўи еркекти азаплай алатуғын аўырыў болып табылады. Əдетте, олардың себеби, еркеклердиң ɵзлериниң жаман минезин ɵзгермейтуғын деп санаўға үйренип кеткенинде. Бирақ, ҳақыйқатында бул кɵз-қарас бузылыўы мүмкин. Күйеўиңди сезимлер «айналдырыўына» қарап, ҳǝрекетсиз болма, себеби сениң дуўаң оның келешектеги азатлығының гиреўи. #### ДУЎА Қудайым, егер бизлер Саған исенсек, бизлердиң жанымызды қутқаратуғының ҳаққында Сен айтқансаң (Забур 33:23 — қа қараң). Мен Сеннен ол (күйеўиңниң аты) жаман сезимлеринен оның жанын тек Сен қутқара алатуғыныңа исениўи ушын ɵтинип сорайман. Ол түсиңки кейпияттан, ғǝзептен, қǝўетерден, қорқыныштан ҳǝм ɵзин-ɵзи ɵлтириў ойынан азат болсын. Айрықша мен (айрықша машқала) ушын сорайман. Оның минезине жаман тǝсир қылатуғын адамлар менен қатнас жасаўына жол қойма (Забур 39:5 — қа қараң). Мен билемен тек Сен қутқарып, шыпалай аласаң. Оның қутқарылыў қуралы ретинде мени қоллан. Ол алып барып атырған гүреске араласпаўыма, ал оның орнына оны дурыс түсинип, жигерлендиретуғын сɵзлер айтыўыма жǝрдем бер. Ɵзиниң терең қǝўетерлерин мен ямаса дослары менен бɵлисиўин оған үйрет. Ɵзиниң сезимлерин ɵзинде қалдырмай, жылағысы келген ўақытта жылаўына жǝрдем бер. Оған күлиўди үйрет. Оған ɵмир жағдайларына алаң болмай, ɵзиниң сезимлерине қарамастан, Саған исениўди үйрет. Оған сабырлы болыўды үйрет, себеби сабырлылық пенен жаныңызды қутқарыў мүмкин (Лука 21:19 — қа қараң). Оның «қайғыларын қуўанышқа» айландыр (Ийшая 61:3 — қа қараң), оны Мухаддес Руўхқа толтыр ҳǝм бүгин оған жақсы кейпият бер. ##### СЕНИҢ ДУЎАҢДЫ ҲƎРЕКЕТКЕ КЕЛТИРИЎГЕ ЖƎРДЕМ БЕРЕТУҒЫН МУХАДДЕС КИТАПЛЫҚ АЯТЛАР Ɵзине исенген ақмақ, ал ол ақыл менен жүретуғын болса қутқарылады. (Сулайман. нақ. мақ. 28:26) Мине, Қудайдың кɵзи Оннан қорыққанларда ҳǝм Оның мийримине үмит еткенлерде. Ол олардың жанын ɵлимнен қутқарады… (Забур 32:18-19) Мен Қудайға қатты үмитлендим, Ол мениң ийилип жылағанымды еситти. Ол мени қорқынышлы тесиктен, ылайлы батпақтан шығарып алды. Аяқларымды тасқа бастырып, қǝдемлеримди беккем қойды. Ол аўзыма таза бир қосық — Қудайға алғыслар салды. Кɵп адамлар буны кɵрип ҳǝм қорқып, Қудайға үмит байлады. (Забур 39:2-4) Жанымды Ол беккемлейди, Ɵзиниң аты ушын мени туўры жолға баслайды. (Забур 22:3) Қулларының жанына тɵлемди Қудай берер, Оннан пана сораған ҳеш ким айыплы болмайды. (Забур 33:23) # 23-БАП ## ОНЫҢ ЖҮРИСЛЕРИ «Жүрис» сɵзи адамның ɵмиринде қайсы бағытта, қандай мақсетте, қандай тǝқилетте жүретуғын түрли жолларды билдиреди. Адам ɵзиниң жолын ҳǝр күни таңлап алады. Тек бир жол оны алға алып барады, ал қалғанлары болса тек арқаға. Оның ɵмир жолындағы жүриси оның жаратылысының барлық тараўларына: оның шаңарағына ҳǝм ǝтирапындағыларға қатнасына, адамның оған қатнасына, ҳǝттеки оның сыртқы кɵринисине де тǝсир етеди. Мен алдын сыртқы кɵриниси кɵримсиз адамның Қудайдың ўǝсиятларының изинен жүргеннен кейин танымайтуғындай дǝрежеде ɵзгергенин кɵрдим. Оның сɵзлерин түсингеннен кейин олардың руўхы терең минсиз раўажланды ҳǝм олар ɵзлериниң жолын аңлап жетти. Бул оларға күш береди, себеби олар ɵзлериниң бағышланыўын биледи. Булар енди тек сулыў болып қоймастан, ɵзине де тартатуғын басқаша адамлар еди. Мухаддес Китапта адамлардың жоллары ҳаққында кɵп айтылған. Бизлер: Қудайдың кɵз алдында минсиз минез бенен жүриўге шақырылғанбыз, себеби «минсиз жүрген адамды Қудай жарылқаўсыз қалдырмайды» (Забур 83:12 — қа қараң), даналықта, себеби «ким минсиз жүрсе, оған ҳеш қандай зыян болмайды» (Сулайман. нақ. мақ. 28:18 — қа қараң), таза жүрек пенен, себеби «ким гүнасыз жүрсе, ол қǝўипсизликте болады» (Сулайман. нақ. мақ. 10:9 — қа қараң), ǝдил адам менен қатнаста, себеби «ǝдалатсызлар жыйналысына бармайтуғын адам жарылқанған» (Забур 1:1 — қа қараң) ҳǝм дана адамлар менен, себеби «дана адам менен қатнаста болған дана болады» (Сулайман. нақ. мақ. 13:20), қулақ асып жүриў, себеби «Қудайдан қорқып, Оның жолында жүретуғын адамлар бахытлы» (Забур 127:1), — «жүриўге» шақырылғанбыз. Бирақ ең ǝҳмийетлиси бизлер мухаддес жолда жүриўимиз керек. «Сол жерде үлкен жол болады ҳǝм ол арқалы жүриў мухаддес жол деп аталады. Бул жолда жүретуғынлар, тǝжирийбесиз болса да адаспайды» (Ийшая 35:8). Мухаддес Жол менен жүриўдиң ең ǝжайыбы соннан ибарат, сүрниксең де жығылмайсаң ҳǝм оннан шығарып тасланбайсаң. Дебраның күйеўи Бен шын жүректен исениўши адам, ақмақ адамға уқсамайды, бирақ ол гүманлы кǝрханаға кɵп ақша қойып ақмақлық қылды. Нǝтийжеде, ол ақшасының ҳǝммесин жоғалтты, бул ақшаға жǝне қосымша шығынлар да қосылды. Бул ўақыя олардың финанс жағдайын, бǝлким некесин де толығы менен бузыўы мүмкин еди, бирақ Бенниң шүкирлик етип, Қудайдың алдында бойсыныў ҳǝм мухаддесликте турғаны ушын олар жарылқанды. Қудай менен ойласпастан исленген нǝрсеси үлкен жағымсызлыққа алып келди, бирақ бахтына қорқынышлы апат болған жоқ. Ийса Қудайға баратуғын жалғыз бир жолдың бар екенин, яғный «Мен жолман» (Юхан 14:6 — қа қараң), — деп айтты. Ɵлимге алып баратуғын жол кең ҳǝм оны кɵп адам таңлайды, бирақ «…ɵмирге апаратуғын қапы тар, жол да киши, оны табатуғынлар аз» (Матта 7:14). Күйеўиң усы жолды табыўы ушын дуўа ет. Ол ушын Мухаддес Руўхтың басқарыўын сора. Қудайдың жолында Оның сɵзине исеним менен беккем турыўы ҳǝм бунда оған Қудайдың еркине қарсы ислеген ҳǝр бир исине шын жүректен ɵкиниўине жǝрдем бериўине дуўа ет. Оны исеним ҳǝм бойсыныў ғана мухаддес Жолда услап турады. Егер ол денеде емес, ал Руўхта жүрсе, ол бул жолдан ҳеш қашан бурылмайды. Қудай күйеўиңниң Мухаддес Руўхтың жетелеўи менен жүриўин (Галат 5:25 — қа қараң), оның ɵмиринде Ɵзи менен бирге жүриўин ҳǝм Оған уқсаўын қǝлейди. Қудайдың жолында жүриўши адам-ǝтирапындағылар ушын қуўаныш болып табылады. #### ДУЎА «Қудайым, мен адамның жолы ɵз еркинде емеслигин ҳǝм ɵзиниң табанына жол кɵрсетиў ҳуқықында емес нǝрселерди билемен» (Еремия 10:23). Соның ушын Сеннен ɵтинемен, Қудайым, күйеўимниң қǝдемин басқар. Оны Ɵзиңниң нурыңа алып бар, оған Ɵзиңниң жолыңды үйрет ҳǝм Сениң ҳақыйқатлығыңда жүриўине үйрет. Мен Сениң жолыңда оның беккемлениўин, руўхый ашлығы күшейиўин ҳǝм Сениң сɵзиңе шɵллеўи ушын дуўа етип сорайман. Сениң барлығың оны қуўанышқа бɵлесин ҳǝм ол оны излеўди тоқтатпасын. Оны Ɵзиңниң жолыңда алып жүр ҳǝм сениң ҳақыйқатлығыңнан жүз бурғанда, оны бǝрҳа тǝўбе етиўге шақыр. Сениң алдыңда минсиз жүриўи ушын оған ҳǝр бир сырлы гүнасын аш. Сениң нызамыңды бузғанда, ол ɵкинип қыйналсын. Онда таза жүрек жарат ҳǝм ǝдиллик руўхын оят. Оны таслап кетпе ҳǝм оннан мухаддес Руўхыңды тартып алма (Забур 50:12-13 — қа қараң). Қудайым, Сен гүнакар тǝбиятының жетелеўи менен жүретуғын Маған унамайды деп айтқансаң (Рим. 8:8 — қа қараң). Соның ушын мен ол (күйеўиңниң аты) денениң емес, ал руўхтың қǝлеўи бойынша ҳǝрекет етиўи ушын ҳǝм соның менен ɵзин «қуўдалаўшылар жолынан» (Забур 16:4 — қа қараң) сақлаўы ушын сорайман. Ол Мухаддес Руўхтың жемиси-сүйиспеншилик, қуўаныш, тынышлық, сабырлылық, мийримлилик, қайырхомлық, садықлық, мүлǝйимлилик ҳǝм ɵзин тутып билсин (Галат. 5:22-23 — қа қараң). Оны тек Мухаддес Жолда жүриўи ушын қоллап-қуўатла, ɵмиринде усы жолдан адаспасын. ##### СЕНИҢ ДУЎАҢДЫ ҲƎРЕКЕТКЕ КЕЛТИРИЎГЕ ЖƎРДЕМ БЕРЕТУҒЫН МУХАДДЕС КИТАПЛЫҚ АЯТЛАР Солай етип, Ийемиз ушын тутқын болған мен сизлерден жалынып сорайман: Қудайдың ɵзлериңизди шақырған ɵмирине ылайықлы түрде жасаңлар. Толық кишипейиллилик, мүлǝйимлилик ҳǝм сабырлылық пенен жасаңлар. Бир-бириңизди сүйип, мийзамкеш болыңлар. (Ефес. 4:1-2) Ким ҳақыйқатлық бойынша жасап, рас сɵйлесе; ким қызғаныўшылықты жек кɵрип, қолын пара алыўдан тыйса, қулақларын қан тɵгилгени ҳаққында еситиўден басса ҳǝм кɵзлерин жаўызлықты кɵрмеў ушын жумса, онда ол бийикликте жасайды; оның панасы қǝўипсиз жар таслар; оған нан бериледи, суўы болса сырқылмайды. (Ийшая 33:15-16) Солай етип, сүйикли туўысқанларым, усындай ўǝделерге ийе болғанымыз себепли, денемизди ҳǝм руўхымызды ипласлайтуғын ҳǝр бир нǝрседен ɵзлеримизди тазалайық. Қудайдан қорқып жасап, минсиз мухаддесликке жетилисип барайық. (Коринф 2-х 7:1) Қудайым, Сениң баспанаңа ким киреди? Ким мухаддес таўыңда пана табар? Ким жүреги пǝк болып, ҳадал ислесе, шын жүректен ҳақыйқатты айтса. (Забур 14:1-2) Кɵзлерим мǝмлекеттиң мɵминлеринде, олар Мениң саямда орналасады. Əдил адам Маған хызмет етеди. (Забур 100:6) # 24-БАП ## ОНЫҢ СƟЗИ Кɵп сɵйлеп, аз ислейтуғын адамлар менен ушырасқан ўақтыңыз болды ма? Ɵзиниң жобалары менен мақтанатуғын, бирақ иске асырыўға ҳǝрекет етпейтуғын еркеклер бар. Бундай адамлар бир орында турады: «Себеби түс кɵп жумыс ислегеннен болады, ал ақмақтың даўысы кɵп сɵйлегенинен кɵринеди» (Ўазшы 5:2). Олар ҳаққында бǝрҳа айтыўдан мақсетке ерисиў мүмкин емес. Тек олар ушын дуўа етип, олардың ɵмиринде қолланыўы ушын бир нǝрсе ислеў керек. Сиз қашан болса да ɵзин услап билмейтуғын, жаман сɵз айтатуғын адамлар менен сɵйлестиңиз бе? Бундай адамларды тыңлаўшы адамлар, ɵзин қолайсыз сезеди ҳǝм олардан тезирек қашыўға талпынады. «Жек кɵриўшилик пенен бирликте ҳǝр бир жаман нийет, ашыў, ғǝзеп, бақырыс ҳǝм ɵсек сизлерден узақ болсын» (Ефес. 4:31). Кимниң аўзынан жаман сɵз шықса, Қудайдың жарылқаўы оны шетлеп ɵтетуғыны түсиникли. Бǝрҳа налый беретуғын адамды билесиз бе? Қандай жағдай болса да, ол тек жаман нǝрсени кɵреди. Бирақ, былай айтылған: «Ҳǝр бир нǝрсени тоңқылдамай ҳǝм тартыспай ислеңлер. Сонда сизлер, адасқан ҳǝм бузылған ǝўлад арасында Қудайдың кемшиликсиз, таза ҳǝм минсиз балалары боласызлар…» (Филип 2:14-15 — қа қараң). Жаман сɵзлер ɵзи менен жаман нǝтийже алап келеди ҳǝм бǝрҳа жаман сɵз сɵйлейтуғын адам кɵп нǝрсеге ерисе алмайды. Сизлер мǝнисин ойланбай сɵйлейтуғын адамлар менен ушырастыңыз ба? Ол сɵзлерди ойланбай, жеңил сыртқа шығарады. « Əдил адам ойлап жуўап береди, ал ǝдалатсыз адамның аўзынан жаман сɵзлер шыға береди» (Сулайман. нақ. мақ. 15:28). «Асығыс сɵйлейтуғынды кɵрдиң бе? Оннан гɵре ақмақтан үмит кɵп» (Сулайман. нақ. мақ. 29:20). Айтқан сɵзин ойламайтуғын адамларға бǝрҳа жаман болады. Ɵзиниң сɵзлери менен ɵмирлик жолдасына болсын, баласына, достысына ямаса бирге ислеўши адамларға болсын, үмитсизлик, олардың жүрегине қǝўип туўдыратуғын адамды кɵрдиңиз бе? «Ɵлим де, ɵмир де тилдиң ҳүкиминде, биреўдиң сүйген мийўесин жейди» (Сулайман. нақ. мақ. 18:21). Бундай адам алды менен ɵзиниң ɵмирин набыт етеди. Бизлерди ақлайтуғын да, айыплайтуғын да — айтқан сɵзлеримиз (Матта 12:37 — қа қараң), олар бизлерге бирде қуўаныш (Сулайман. нақ. мақ. 15:23), бирде абыройсызлық алып келеди (Матта 15:11 — қа қараң). Бизлердиң сɵзимиз бирде басқа адамларды жигерлендирсе, бирде олардың руўхына ғулғула салады (Сулайман. нақ. мақ. 15:4 – қа қараң). Сɵзимиздиң ақыбети ɵзимизди ҳǝм сɵйлесип атырған адамымызды қутқарыўға ямаса ɵлтириўге уқыплы (Сулайман. нақ. мақ. 13:3 — қа қараң). Ҳǝр бир сɵйлеп турған адам таңлай алады ҳǝм дурыс таңлаған ўақытта оны сый күтип тур: «Аўзын ҳǝм тилин қорғаған, ɵз жанын тǝшўиштен асырайды» (Сулайман. нақ. мақ. 21:23). Күйеўиңниң сɵзлерине ҳǝм оның «аўзынан шыққанға» дыққат сал, себеби ол оның руўхының аўҳалын айтады: «…жүрегиң неге толы болса, аўзыңнан сол шығады» (Матта 12:34 — қа қараң). Егер күйеўиң бǝрҳа налынып, ҳǝмме нǝрсеге наразы болса, егер ол ɵзин ямаса басқа адамларды набыт ететуғын сɵзлер айтса, егер жүрегинде толған жаман тǝсирлер менен қыйналса, онда ол ушын дуўа ет. Мухаддес Руўх жүрегин тазалаўы ҳǝм оны Ɵзиниң сүйиспеншилиги, тынышлығы ҳǝм қуўанышына толтырып, аўзынан ɵмир сɵзин шығарыўы ушын дуўа етип сора. #### ДУЎА Қудайым, Сениң Мухаддес Руўхың күйеўимниң аўзын қорғаўы ушын сорайман. Оның аўзынан тек дана сɵзлер шықсын. Оны налыў ҳǝм бақырыўды қǝлеўден қутқар. Əтирапындағы ҳǝмме нǝрсени бузатуғындай сɵзлерден оның аўзын тазала. Саған унайтуғындай сɵз шығыўы ушын оны тǝртипке үйрет. Сениң Сɵзиңде, тилин ɵтирик ҳǝм жаўызлықтан тыятуғын адамға узақ ɵмир бериледи (Забур 33:13-14 — қа қараң) делинген. Оған буны үйрет. Оны Ɵзиңниң сүйиспеншилигиңе толтыр ҳǝм бул сүйиспеншилик арқалы аўзынан тек ɵмир сɵзи шықсын. Усыны мениң жүрегимде де орнат. Бизлердиң сɵзимизде Сениң Руўхың патшалық қылсын. Бул сɵзлер бизиң қарым — қатнасымызға жǝрдем берсин. Бир-биримизге ҳүрмет кɵрсетиўге ҳǝм бир-биримизге жигерлендириў сɵзлерин айтыўға үйрет. Қудайым, Сен Ɵзиңниң сɵзиңде, бǝрҳа аўызбиршиликте бирлескен еки адамның арасында болатуғыныңды айттың, бирақ мен былай дуўа етемен: арамызда татыўлық болыўы ушын арамызда Сен бол. Бизлердиң сɵзимиз ҳǝм жүрегимиздеги қǝлеўимиз «Сениң алдыңда унайтуғын» болсын. Қудайым, Сен бизлердиң Қутқарыўшымыз ҳǝм қорғанымызсаң (Забур 18:15 — қа қараң). ##### СЕНИҢ ДУЎАҢДЫ ҲƎРЕКЕТКЕ КЕЛТИРИЎГЕ ЖƎРДЕМ БЕРЕТУҒЫН МУХАДДЕС КИТАПЛЫҚ АЯТЛАР Аўызларыңыздан ҳеш бир жаман сɵз шықпасын. Ал, орны менен сɵйлеп, еситкенлердиң руўхын кɵтеретуғын пайдалы сɵзлерди айтың. (Ефес. 4:29) Сизлерге айтатуғыным мынаў: адамлар айтқан ҳǝр бир бос сɵз ушын, ҳүким шығарылатуғын қыямет — қайым күнинде жуўап бериўлери шǝрт. (Матта 12:36) Жасаў жақсы, ɵмирим узақ болсын, жақсы күнлер кɵрейин деген адам ким? Ол тилин жаман сɵзден тыйсын, аўзын жаман сɵзден сақласын. (Забур 33:13-14) Дана адамның аўзындағы сɵз жарылқаў, ал ақмақтың аўзындағы сɵз оны набыт етеди. (Ўазшы 10:12) Аўыздан шыққан кеўилден шығады. Адамды ҳарамлайтуғын усы! (Матта 15:18 ) # 25-БАП ## ОНЫҢ ТƏЎБЕ ЕТИЎИ Сьюзан кɵп жыллар күйеўи Джерридиң наркотик қолланбаўы ушын дуўа етти, бирақ ол қайта-қайта күйеўиниң усыны ислеп атырғанының үстинен шығатуғын еди. Ҳǝр кɵргенинде ол айыбын мойынлап, енди буны ислемеўге сɵз беретуғын, бирақ ɵзиниң ўǝдесинде турмайтуғын еди. Оның шын жүректен тǝўбе етиўи ҳǝм бул оның ɵмирине қатта тǝсир етиўи ушын Сьюзан дуўа етиўди даўам етти. Тилекке қарсы, Джерри Қудайға қарамастан алдын, оның Қудайдан бир неше қатаң сабақлар алыўына туўра келди. Ақырында Джерридиң ɵмири толық ɵзгерди. Ҳǝзирги күнде ол басқа адам болды. Ҳаялы Сьюзан менен бирге ол Қудайға, — бул аўырыў менен гүресиўде басқаларға жǝрдем бериўи менен хызмет етеди. Сьюзан исениўши болғанлықтан, Қудайдан тынбай күйеўин тǝўбе етиўге алып келиўин сорады. Ҳǝмме адам қǝтелеседи, бирақ гǝп бунда емес. Машқала, бүгинги күнде адамлар ɵзлериниң қǝтелерин мойынлаўды умытқанында. Бул дүнья жүзине таралған жуқпалы аўырыўға уқсайды. Қудай: «Егер гүналарымызды мойынласақ, садық ҳǝм ҳақ Қудай гүналарымызды кеширип, бизлерди ҳǝр қандай жаманлықтан тазалайды» (Юхан 1-х 1:9), — деп айтқан. Бирақ, егер бизлер ɵзимиздиң қǝте ҳǝрекетимиз ушын тǝўбе етиўди билмесек, онда бул нǝрсе болмайды. Қудайдың нийети бойынша, бизлердиң ҳǝрекетлеримиздиң ɵзгериўи үш басқыштан турады: бириншиден, Қудайдың алдында қǝтелеримизди мойынлап тǝўбе етиў; екиншиден, ислеген исимизге ɵкинип, тǝўбе етиў; үшиншиден, гүналарымыздан тазаланыў ушын кеширим сораў. Егер бизлер булардың биреўин де ислей алмасақ, онда машқаламыздың тамырын менменлигимизден излеўимиз керек. Қудайдың ҳǝм адамлардың алдында кɵкирегин баса алмайтуғын ҳǝм қǝтесин мойынлай алмайтуғын адам тек ɵзиниң ɵмирин қыйынластырады. «Ɵзин дана деп ойлайтуғын адамды кɵрдиң бе? Оннан гɵре ақылсыздан үмит кɵп» (Сулайман. нақ. мақ. 26:12). Бǝлким, күйеўиңе айыбын мойынлаў аўыр шығар? Бǝлким, ол күнине 20 рет кешир деп айтатуғын, бирақ ҳǝрекетинде ɵзгермейтуғын адам шығар? Не болса да, оның жалғыз ислеў керек нǝрсеси — бул тǝўбе етиў. Шын жүректен тǝўбе етиў деген, бул қǝтени басқа қайталамайман дегенди билдиреди. Тек Қудай бизлерге неде гүна ислегенимизди ҳǝм қалай бул гүнаны жуўатуғынымызды ашыўы мүмкин: «…Қудайдың кең пейиллиги сени тǝўбеге алып келеди» (Рим 2:4 — қа қараң). Тǝўбе қылған адам Қудайдың жарылқаўын алады. Бизлер Қудайдан күйеўимиз Оның мийримин алыўы ушын сораўымыз шǝрт. Кɵп еркеклер ɵзлериниң менменлигиниң ҳǝм қǝтесин мойынлап, тǝўбе етпегениниң қурбаны болады. Бул ҳаққында газеталарда оқып отырып, бизлер бǝрҳа буның гуўасы боламыз. Жуўылмаған гүна ҳеш жерге жоқ болып кетпейди. Исик сыяқлы ол үлкейип жанын жейди. Күйеўиң ɵзиниң гүнасын кɵриўи ушын, Қудайдың алдында тǝўбе етиўи ушын, ал кейин тǝўбе етип ҳеш қашан оны қайталамаўы ушын дуўа ет. Қудай «ҳеш кимниң набыт болыўын қǝлемей, ҳǝр бир адам тǝўбе етиўин» қǝлейди (Петр 2-х 3:9 — қа қараң). Бундай дуўа етилип атырған адам ушын аўыр болыўы мүмкин. Бирақ қǝтелердиң ақыбетинде қыйналып жүргеннен гɵре, Қудайдың ҳǝзир оның гүналарын ашқаны жақсы. Ақыр-ақыбет, ɵзиңе еситтирип айтпағаны менен, күйеўиң дуўаларың ушын саған миннетдар болады. #### ДУЎА Қудайым, күйеўиме ɵмириндеги барлық гүналарын ашыўың ушын Саған дуўа етемен, себеби «ашылмайтуғын сыр ҳǝм билинбейтуғын қупыя жоқ» (Матта 10:26 — қа қараң). Оны түрли сырлы гүнадан тазала ҳǝм ислеген гүнасы ушын дǝрҳал тǝўбе етиўге үйрет (Забур 18:13 — қа қараң). Ɵзиниң қǝтелерин мойынлаўды үйрет, Сениң ҳақыйқатлығыңды кɵретуғын кɵз ҳǝм Сениң даўысыңды еситетуғын қулақ бер. Сениң алдыңда ол тǝўбе етсин. Егер ол қыйналыўы керек болса, онда бул қыйыншылықтан сынған жүрек болсын. Қудайым, «кемтарлық алғысқа алып келетуғынын» билемен (Сулайман. нақ. мақ. 15:33 — қа қараң). Оның жүрегинен қǝтесин мойынлаўға кесент ететуғын кɵкиреклигин алып тасла ҳǝм оның жанына Сен ўǝде еткен тынышлықты бер. ##### СЕНИҢ ДУЎАҢДЫ ҲƎРЕКЕТКЕ КЕЛТИРИЎГЕ ЖƎРДЕМ БЕРЕТУҒЫН МУХАДДЕС КИТАПЛЫҚ АЯТЛАР Ҳǝй, сүйикли туўысқанларым, егер кеўлимиз бизлерди айыпламаса, онда Қудайдың алдында батыр боламыз ҳǝм Оннан не сорасақ та аламыз. Себеби, бизлер Оның буйрықларын орынлап, Оған унайтуғын нǝрселерди ислеп атырмыз. (Юхан 1-х 3:21-22) Ɵзиниң гүналарын жасырған жеңиске ериспейди, оларды мойынлап, ўаз кешкен кешириледи. (Сулайман. нақ. мақ. 28:31) Қудайым, жүрегимди тексерип, ойымды биле гɵр, қǝўипли жолдаман ба, сынап кɵр. Мǝңги ɵмирдиң жолы менен жүргизе гɵр. (Забур 138:23-24) Мен гүналарымды сыр сақлаған сайын, сүйеклериме шекем сырқырап, налып отырдым. Күни-түни Сениң қолың үстимде аўырласты, жаздың саратанында мийўедей қурып қалдым, күш-қуўатым пүткиллей жоқ болды. Сениң алдыңда гүнамды мойынладым, ҳеш бир айыбымды жасырмадым. Əдалатсызлығымды мойынлайман, — дедим Саған Қудайым, Сен мениң гүналарымды кеширдиң. (Забур 31:3-5) Ийемиздиң хызметшиси жǝнжелпаз болмаўы керек. Керисинше, ол ҳǝмме менен мүлǝйим, тǝлим бериўге қǝбилетли ҳǝм сабырлы болыўы тийис. Жǝне ол ɵзине қарсы болғанларға ǝлпайымлылық пенен жол — жорық бериўи лазым. Сонда, мүмкин, Қудай сол адамлардың да тǝўбеге келип, ҳақыйқатлықты билиўи ушын жол ашар. Солай етип, олардың ақылы киреди ҳǝм қǝлегенин ислетиў ушын ɵзлерин тутқын қылған шайтанның дозағынан қутылады. (Тимофей 2-х 2:24-26) # 26-БАП ## ОНЫҢ АЗАТ БОЛЫЎЫ Мелисса күйеўиниң ишимликке берилгенинен қатты қǝўетерде еди. Марк пүткиллей мǝскүнем емес еди, бирақ онда буның анық белгилери пайда бола баслады. Оның ǝкеси де ҳақыйқый мǝскүнем еди. Ол Марктен балаларына бул мийрас болып қалмаўы ушын дуўа ететуғын еди. Ол Қудайдан оларды мǝскүнемликтиң кишкене белгисинен де сақлаўын сорады. Оның күйеўи мǝскүнем болған жоқ, балалары да ишкиликке ҳеш қандай қызығыўшылық кɵрсетпеди. Мелисса Қудайдың дуўасына жуўап бергенин кɵрди. Тойынан кейин Стефани күйеўиниң басқаға қызығыў гүнасы менен иштен гүрес алып барып атырғанын түсинди. Ол ҳаялын жақсы кɵрмейди деп айтыў мүмкин емес, бирақ ол бойдақлық ɵмири менен хошласа алған жоқ ҳǝм енди денениниң қǝлеўлери менен гүресиўге күш таба алмады. Күйеўиниң қандай аўҳалда екенин кɵрип, Стефани дуўа етиўди баслады. Джейсонның ɵзи де буннан қутылыўды қǝлегени ушын олар биргеликте мақсетине тез арада жетти. Ҳǝр биримиз қандай да қылықларымыздан азат болыўға мүтǝжбиз. Қудай буны биледи. Егер бизлер Оған мүтǝж болмағанымызда, Ийса бизлерге Қутқарыўшы ретинде келерме еди? Дуўа етиўди Ол бизлерге не ушын үйретти: «Бизлерди азғырыўдан сақла» (Матта 6:13 — қа қараң)? Не ушын Ол бизлерге азғырылыўдан (Петр 2-х 2:9 — қа қараң), жаўыз адамлардан (Забур 139:2 — қа қараң), ɵлимге алып баратуғын қызығыўшылығымыздан (Сулайман. нақ. мақ. 24:11 — қа қараң), түрли қайғылардан (Забур 33:18 — қа қараң) ҳǝм ɵлимнен (Коринф. 2-х 1:10 — қа қараң) қутқарыўды ўǝде етеди? Егер бизлерге ҳақыйқаттан жǝрдем бериў ушын болмаса? Ол буны ислеўге таяр ҳǝм буны қǝлейди. Бизлер тек Оннан буны сораўымыз керек. Ол: «Аўыр күнде Мени шақыр. Мен саған тынышлық беремен. Сен болсаң Мени уллылайсаң» (Забур 49:15 — қа қараң), — деп айтты. Ɵлимге дуўшар ететуғын қǝўипли жағдайда болғанда Қудайдың мүтǝжлигимизди кɵрип турғанына ҳǝм жǝрдем беретуғынына исенимимиз бизлерди жигерлендире алады: «Қудай мухаддес бийиклигинен ийилип, аспаннан жерге қарады. Тутқынның дǝртин еситиў ушын ɵлип кететуғын адамзатты қутқарайын деп» (Забур 101:20-21). Қудайдың Ɵзи бизлерди тордан алып шығыўын билиў қандай жақсы (Забур 24:15 — қа қараң). Арамызда ким буған мүтǝж емес? Егер күйеўиң ɵзиниң мүтǝжлигин мойынлаў уқыбына ийе болмаса, оған жǝрдем бер, себеби айырым еркеклер ҳақыйқый үмитсизликке түседи, ал ҳаялының дуўасы болса қутқарыўшы қурал бола алады. Күйеўиңди түрли ғǝрезли нǝрседен азат етиўин Қутқарыўшыдан сораўың мүмкин. Оның жолын шатастырыўға ҳǝрекет етип атырған душпанға қарсы турыўың мүмкин. Елши бизлерге: «Масих бизлерди еркин ɵмир сүриўимиз ушын азат қылды. Сонлықтан, беккем турыңлар…», — деп үйретеди (Галат. 5:1). Маған беккем турыўға белгили болған усыллардың ең нǝтийжелиси — ɵзиң ҳǝм күйеўиң ушын дуўа етиў. Бул Қудайдың барлық қураллары менен қуралланып, мине мениң дуўам: #### ДУЎА Қудайым, Сен қайғырған күниңизде шақырғаныңызда, қайғыңыздан қутқараман деп айттың (Забур 49:15 — қа қараң). Мен Саған жалбарынып, күйеўимди (азғырылыўдың аты) азат етиўиңди сорайман. Оған жǝрдемге кел ҳǝм оның жар тасы, панасы ҳǝм қорғаны бол (Забур 30:3 — қа қараң) ҳǝм оны душпанның қолынан қутқар (Забур 30:16 — қа қараң). Оған ɵзиндеги ǝдилсизликти кɵриўине ҳǝм Сеннен жǝрдем сорап барыўына кɵмеклес. Егер дуўадан кейин қутқарылыў дǝрриў келмесе, оған үмитсизликке түспеўине ҳǝм ɵмиринде Сениң жақсы исиң басланғанына ҳǝм Сен оны ақырына шекем толық тамамлайтуғыныңа исенимли болсын (Филип 1:6 — қа қараң). Сениң ең үмитсиз жағдайларды ɵзгерте алатуғыныңа кɵзи жетсин. Оған «урысымыз қан ҳǝм еттен ибарат болған адам баласына қарсы емес, ал бул дүньядағы кɵзге кɵринбейтуғын ҳǝкимлерге, бийлеўшилерге, бул қараңғы заманның күшлерине ҳǝм аспандағы жаўыз руўҳларға қарсы» екенин түсиниўине жǝрдем бер (Ефес. 6:12 — қа қараң). Ол Сенде беккемлениўи ушын ҳǝм жаўызлық күнинде шайтанға қарсы турыўға Сениң қуралларыңды алыўы ушын дуўа етип сорайман. Белин ҳақыйқат белбеўи менен буўып, кɵкирегине ҳақлық саўытын кийиўи ушын, Хош Хабарды тарқатыўды аяқларына аяқ кийим қылып кийиўи ушын ҳǝм соның менен бирге исеним қалқанын қолына алып, қутқарылыў дуўлығасын ҳǝм Сениң сɵзиң болған Мухаддес руўхтың қылышын алыўына ҳǝм түрли тилек ҳǝм жалбарыныўлар менен Мухаддес Руўхтың басқарыўында тынбай дуўа етиўине жǝрдем бер (Ефес. 6:13-18). ##### СЕНИҢ ДУЎАҢДЫ ҲƎРЕКЕТКЕ КЕЛТИРИЎГЕ ЖƎРДЕМ БЕРЕТУҒЫН МУХАДДЕС КИТАПЛЫҚ АЯТЛАР Қудайым-сүйенишим мениң, қорғаным ҳǝм Қутқарыўшым мениң. Тǝңирим, Сен мениң баспанамсаң, қалқаным, қаҳраманым мениң. Қудайым ҳүрметиме ылайық ҳǝм Оны шақырғанымда келип мени душпанларымнан қутқарады. (Забур 17:3-4) Ол Маған меҳир байлағаны ушын қутқараман, атымды тǝн алғаны ушын аман сақлайман. (Забур 90:14) Ол аспаннан ийилип қолымнан услап қалды, суўдың ишинен мени шығарып алды. Ол мени күшли душпанларымнан, мени жек кɵриўшилерден қутқарады. Апатлы күнимде олар қасыма келди, бирақ Қудайым мениң таянышым болды. Ол мени кеңликке шығарып қойды, меннен разы болып, еркинликке шығарды. (Забур 17:17-20) Сен жанымды ɵлимнен асырадың, аяқларымды тосқынлықлардан сақладың. Мен енди ɵмир жарығында Қудай алдында жүремен. (Забур 55:14) Жаратқан Ийемниң Руўхы мениң үстимде. Ɵйткени Ол Мени жарлыларға Хош Хабар жǝриялаў ушын тайынлады. Ол Мени тутқынлардың азат болатуғынын, соқырлардың кɵретуғынын хабарлаўға, азап шеккенлердиң еркинликке шығыўы ушын ҳǝм Жаратқан Ийемиздиң мийримлилик жылын жǝриялаў ушын жиберди. (Лука 4:18-19) # 27-БАП ## ОНЫҢ БОЙСЫНЫЎЫ Лиза күйеўи Джонатанның ɵзиндей болып руўхый ɵспей атырғанына жүдǝ қǝўетерде еди. Оның Қудай менен қатнасы күн сайын беккемленип атырған ўақытта, күйеўиниң Қудай менен қатнасы ҳǝлсизленип барды. Оның «руўхый тоқтағаны» Лизаны үмитсизликке алып келетуғын еди, себеби ол бǝрҳа бирге руўхый ɵсиўди, ɵмирдиң бундай ǝҳмийетли тараўында бирге болыўды қǝлейтуғын еди. Шаңарақта руўхый жақтан үстем болыў оған унамайтуғын еди. Бирақ, ол Джонатан менен сɵйлесиўге ҳǝрекет еткенинде, ол тǝрептен қарсылық болатуғын еди ҳǝм ол кɵп жумыс ислегени ушын Қудай менен қатнас жасаўға ҳǝм Оның сɵзин оқыўға ўақты жоқ екенин айтып, ɵзин ақлайтуғын еди. Қала берсе ол ҳǝпте ақырында тез-тез сапарға кететуғын еди ҳǝм ибадатханаға шаңарағы менен бирге бармайтуғын еди. Бирақ Лиза кɵбирек бул мǝселеге Джонатанның бийпǝрўалығынан қǝўетерленетуғын еди. Оның жумысында машқала пайда боламан дегенше, бул жағдай даўам етти. Жумысында ɵзине жүкленген тапсырмаларды ол жетерли дǝрежеде жақсы бежере алмады. Оны бул аўҳал бас аўырыўға, ҳǝлсиреўге алып келди ҳǝм оның бул қыйыншылықты кɵтериўи аўырырақ бола баслады. Егер Джонатан Қудай менен күнделикли қатнасын ҳǝм алған руўхый күшин кɵргенде, оның ɵмири жақсы тǝрепке ɵзгеретуғынын Лиза билер еди. Ол күйеўиниң ɵзин тыңлағысы келмейтуғынын да билер еди. Қудай Джонатанды бойсыныўға шақырғанын түсинсе де, Лиза үндемеўди, ал оның орнына Қудайдан күйеўин Мухаддес Руўхқа толтырыўы ушын дуўа етип барыўды шешти. Бир неше ай дуўа еткеннен кейин де сезилерли ɵзгерис болмады, бир күни азанда Джонатан былай деди: «Бүгин мен жумысқа ертерек бараман, себеби жумыс басламастан алдын Қудай менен жалғыз қалыўды қǝлеймен». Лиза үндемей Қудайға миннетдаршылық билдирди. Соннан берли ол Мухаддес Китап оқып, дуўа етиўге үлгериў ушын жумысқа ертерек кететуғын болды. Бул бир, еки жыл алдын болған еди, ал бүгин руўхый тǝртип оның ɵмириниң басқа тǝреплерине де тǝсир етип атыр. Ол дене шынығыўы менен шуғылланады, жақсы аўқатланады ҳǝм алдын ǝрман еткениндей азды ҳǝм ɵмириниң жаңа жағдайында толығы менен беккемленди. Қудайдан басқа ким буны ислей алады? Егер сен күйеўиңниң надурыс жолдан жүргенин кɵрсең, буны оған айтыў керек пе? Егер аўа болса, онда қалай ҳǝм қашан? Мениң жеке тǝжирийбем, алдын бул машқала ҳаққында Қудайға айтыў керек екенин ҳǝм Ол Ɵзиниң тǝрезисинде ҳǝммесин ɵлшейтуғынын айтады. Бǝлким, Ол сени Лизадай етип тынышлыққа ҳǝм дуўа етиўге шақырар. Бǝлким, саған күйеўиң менен сɵйлесиўиң кереклигин айтып кɵрсетер ҳǝм сонда күйеўиң сениң сɵзлериңде Қудайдың даўысын еситер, ǝлбетте, егер күйеўиң менен сɵйлеспестен алдын дуўа етсең. Күйеўиңди «қайраўдың» кереги жоқ, бундай жағдайда үндемеў керек. Оның кɵзлери ашылып, ҳақыйқатты кɵриўи ушын дуўа ет. Сен оны дурыс ҳǝрекет ислеўге руўхландырыўың ҳǝм бǝрҳа Қудайдың ўǝсиятлары бойынша жасаўы ушын дуўа етиўиң мүмкин, бирақ тек Қудай оған шешиўши тǝсир тийгизе алады. Егер кимде-ким бойсыныўды үйренбесе, онда Қудайдың ɵзи ушын таярлаған ийгилигине ҳеш қашан кире алмайды. Ийса Ɵзиниң ойын бǝрҳа анық айтып, былай деди: Егер ким мǝңгилик ɵмирге кириўди қǝлесе, онда буйрықларымды орынласын (Матта 19:17 — қа караң). Қудайға бойсынып, Оған унаған нǝрселерди ислегеннен басқа ҳеш нǝрсе адамға тынышлық ҳǝм исенимлилик алып келмейтуғынын Ол билген. Егер күйеўиң Қудайдың ўǝсиятларына ҳǝм жолларына садық болса, онда Қудайдың сɵзи күйеўиңе мийрим бериўди ўǝде етеди (Забур 24:6-10). Ол тынышлық (Забур 36:37 — қа қараң), бахыт (Сулайман. нақ. мақ. 29:38 — қа қараң), молшылық (Сулайман. нақ. мақ. 21:5 — қа қараң), жарылқаў (Лука 11:28 — қа қараң) ҳǝм ɵмир (Сулайман. нақ. мақ. 21:21 — қа қараң) береди. Бойсынбаўшылық болса аўыр ақыбетлерге (Сулайман. нақ. мақ. 15:10 — қа қараң), дуўаң еситилмей қалыўы (Сулайман. нақ. мақ. 28:9 — қа қараң) ҳǝм Қудайдың Патшалығында мǝңгилик ɵмирден бос қалыўға (Коринф. 1-х 6:9) алып келеди. Бойсынып жүриў Қудайдың еркин орынлаў дегенди билдирип қоймастан, Қудайдың анық нǝсиятларын орынлаў дегенди билдиреди. Мысалы, егер Қудай күйеўиңе дем алыўды буйырса, ал ол бойсынбаса, онда бул қулақ аспаўшылық болып табылады. Егер Қудай қандай да жумысты қалдырыўды буйырса, ал ол ɵз бетинше ислеўди даўам етсе, бул да бойсынбаўшылық. Егер Қудай кɵшиўди буйырса, ал ол ислемесе, онда бул да бойсынбаўшылық. Бирақ, Қудайдың сɵзлерин тыңлап, оларды орынлаўшылардың ҳǝр бири ɵз үйин жар тас үстине салған ақыллы адамға уқсайды. Жаўын жаўып, дǝриялар тасып, самал есип бул үйди соққылады, бирақ ол жар тас үстине салынғанлықтан қуламайды (Матта 7:24-27 — қа қараң). Сениң күйеўиң соққан үй бойсынбаўшылықтан қулағанын қǝлемейсең ғой. Сен оның-бақлаўшысы ҳǝм үйретиўшиси болмаўың мүмкин, бирақ сен Қудайдың пǝтиясын алып болғаннан кейин дуўа етип баслаўың мүмкин. Егер ҳеш нǝрсеге қарамай, үйиңизге күйеўиңниң қырсық минези себепли бахытсызлық келсе, онда Қудай сениң бойсыныўыңды баҳалайтуғынын ҳǝм набыт етиўге жол қоймайтуғынын бил. Ол саған Ɵзиниң жарылқаўын жаўдырады ҳǝм жоғалтқан нǝрселериңниң орнын толтырады. Күйеўиң Қудайдың даўысына қулағын баспаўы ушын, Қудайдың ерки бойынша ислеўди қǝлеўге күш бериўи ушын дуўа етиўди даўам ет. #### ДУЎА Қудайым, Сен Ɵз сɵзиңде, жүрегинде ǝдалатсызлық ҳүким сүретуғын адамды еситпеймен дегенсең (Забур 65:18 — қа қараң). Мениң ɵтинишимди еситип, маған ɵмиримдеги ǝдалатсызлықты, ǝсиресе мениң күйеўиме болған ǝдалатсызлығымды кɵрсет. Маған кɵрсет: мен оны жетерли дǝрежеде сүйемен бе, оған ашыўым бар ма, Сен ҳаялға ўǝсият еткениңдей, оған хызмет етемен бе? Маған айт, Қудайым, мен Саған бойсынаман ба ҳǝм ɵмирим Саған унай ма? Сениң алдыңда гүналарымды мойынлайман ҳǝм Сеннен кеширим сорайман. Мен Сеннен оған (күйеўиңниң аты) Сениң ўǝсиятларыңды орынлап жасаўға ҳǝм Сениң жолыңда жүриў ушын тилек бериўиңди сорайман. Оған Ɵзиңниң нийетиңди аш ҳǝм оның ɵмириндеги Саған тийисли емес нǝрселерди алып тасла. Оның ҳǝр бир ойы ҳǝм ҳǝрекети Сениң кɵз алдыңда болсын. Оны жақсы ислер ислеўге руўхландыр, адамлар ҳаққында жаман сɵз айтыўын тоқтат ҳǝм ɵмирине жақсылық ҳǝм тынышлық алып келиўине ҳǝм бойсыныўшылықтың үлгиси болыўына жǝрдем бер (Титус 3:1-2 — қа қараң). Ɵзиниң тǝртибиниң ҳǝм бойсыныўшылығының ǝҳмийетин түсиниўди үйрет. Оған ǝдиллиги ушын сый бер «себеби Сен оның қутқарыўшы Қудайысаң» (Забур 24:4-5 — қа қараң). Оның аўзына алғыс сал, себеби бизлер Саған табынғанымызда, бизлерге түсиниўшилик келеди, ɵмиримиз ɵзгереди ҳǝм бизлер Сениң еркиң бойынша жасаўға Сеннен күш аламыз. Сениң еркиңди орынлаўды қǝлейтуғындай жүрек бер ҳǝм оның жүреги тынышлыққа толсын, нǝтийжеде Сениң ўǝсиятларыңа бойсынсын. ##### СЕНИҢ ДУЎАҢДЫ ҲƎРЕКЕТКЕ КЕЛТИРИЎГЕ ЖƎРДЕМ БЕРЕТУҒЫН МУХАДДЕС КИТАПЛЫҚ АЯТЛАР Балам, сɵзлеримди умытпа, буйрықларымды жүрегиңде сақла. Олар ɵмириңе ɵмир қосады ҳǝм ɵмириң тыныш болады. Мǝңгиге сүйиспеншилик сеннен кетпейди. Мойныңа маржан қылып тағып ал, жүрегиңниң тɵрине жазып қой. (Сулайман. нақ. мақ. 3:1-3) Маған: «Ийем! Ийем!» дегенниң ҳǝр бири емес, тек аспандағы Əкемниң еркин орынлаўшы Аспан Патшалығына киреди. (Матта 7:21) Нызамнан жүзин бурғанның дуўасы да жеркенишли. (Сулайман. нақ. мақ. 28:9) Мениң даўысымды еситиң ҳǝм Мен сизлердиң Қудайыңыз боламан, ал сизлер Мениң халқым боласызлар ҳǝм сизлерге ўǝсият еткен жолымда жақсы жүресиз. (Еремия 7:23) # 28-БАП ## ОНЫҢ ƟЗИН БАҲАЛАЎЫ Не ушын айырым талантлы ҳǝм уқыплы адамлар, уқыпсыз адамларға қарағанда, кɵбинесе «жабық қапыға» дус келеди? Бул ǝдалатсызлықтай болып кɵринеди. Əлбетте, буның ўақытша нǝрсе екенин умытпаў керек. Қудайдың ҳǝмме нǝрсеге ɵз ўақты бар. Оның Ɵзи бизлер ушын таярлаған нǝрсесине бизлерди ǝсте таярлайды. Егер бизлер Қудайдың нийетин кɵрип билсек ҳǝм бул алтын қағыйданы есте сақласақ, онда бизлер Оның жобаларының орынланыўын тыныш күтип жасаўымыз мүмкин. Бул гүресте жǝне бир ǝҳмийетли жағдай бар-бул, адамлардың ɵзин баҳалаўы. Ɵзин пǝс баҳалайтуғын адамды бǝрҳа ɵзиниң ҳǝрекетлерине ҳǝм басқа адамлар менен қатнасында гүман қыйнайды. Оның ɵзине исенбеўи ɵзине, досларына, бирге ислеўшилерге ҳǝм ҳǝттеки, бийтаныс адамларға да тǝсир етеди. Шетленген болыўға разы болып, ол шетленген адамға айланады. Дэн ɵмириниң аўыр соқпақларынан шығыў жолын излеп қыйналатуғын еди. Ол ɵзиниң ким екенин, неге уқыплы екенин билмейтуғын еди. Ɵзин шексиз «қазыў» нǝтийжесинде, оның ҳаялы Синди менен қатнасы шийеленисти. Ол күйеўине жǝрдем бериўге ҳǝрекет еткени менен, ол оны тыңламады, себеби бул жағдайға шешим қабыллай алмағаным ушын ол мениң үстимнен күлип атыр, — деп ойлайтуғын еди. Соның ушын Дэн ҳаялының усынысларынан бас тартатуғын еди. Синди оған қǝншелли тǝсир етиўге ҳǝрекет еткени менен, Дэн соншелли дǝрежеде оннан алыслады. Бундай қатнас ажырасыў менен тамамланатуғыны анық, бирақ Синди гүресиўдиң пайдасы жоқ екенин түсинди ҳǝм ол ушын дуўа етип баслады. Ол Қудайдан Дэн менен не жүз берип атырғанын ҳǝм қарсылығының себебин кɵрсетиўин сорады. Қудай оған буның себеби күйеўиниң ǝкесинен мийрас болып қалған сапасызлықты сезиў екенин кɵрсетти. Оның ǝкеси де ɵмир бойы ǝўметсиз болған екен. Бирақ, Дэндеги бул аўырыўдың тийкары қандай болыўына қарамастан, Синди Қудайдың оны ɵзгертетуғындай күши бар екенине исенетуғын еди. Ол Қудай Дэнди Ɵзине уқсатып ɵзгертемен дегенше дуўа етиўди шешти. Ол Қудайдан Дэнге ɵзин Қудайдың баласы екенин түсиниўине жǝрдем бериўин сорады. Ол жǝне Қудайдан Дэн менен денеде емес, ал руўхый сɵйлесиўине ҳǝм сɵзлери айыплаўдай емес, ал жигерлендиретуғындай шығыўы ушын сорап дуўа етти. Дуўаларына биринши жуўабын Синди тек бир неше айлардан кейин алды, бирақ бул анық кɵринетуғын ɵзгерислер еди. Дэн ҳаялында шеригин кɵрди. Олар келисимге келди ҳǝм бирге ҳǝрекет етиўи ушын гүрести тоқтатты. Ол тез-тез ибадатханаға барыўды ҳǝм исенимниң жаңа күши менен Мухаддес Китапты оқыўды баслады. Ўақыттың ɵтиўи менен ол ɵзин Қудайдың сүйикли улларының бири екенин кɵрди ҳǝм ɵзине «жаратылыстың ǝўметсиз нǝрсесиндей» қарамайтуғын болды. Оның ɵзин баҳалаўы күшейген сайын, Дэн ɵзиниң хақыйқый орнын анық түсинди ҳǝм ɵзиниң кɵз алдында ɵзин қǝдирлейтуғын болды. Оның алдында таза мүмкиншиликлер ашылғаны таң қаларлы емес. Ол кɵп ўақыттан берли ǝрман еткен ǝўметтиң ҳǝм қабыл алыныўдың келип атырғанын сезди. Егер күйеўиңниң ɵзине деген қатнасын ɵзгертиў керек болса, онда сабыр ет. Узақ жыллар даўамында ойында қǝлиплескен пикир етиўи бирден жоқ қылыў мүмкин емес. Бирақ, сен күйеўиңе ɵтирик ойларды беретуғын душпанды жеңе алатуғын Қудайдың жǝрдемине сүйениўиң мүмкин. Сен Қудайдың күйеўиңдеги машқаланың анық себебин кɵрсеткенин кɵресең. Дуўа етиў барысында, Ол саған қалай дуўа етиўди үйретеди. Мен орта жастағы еркек ɵмириндеги машқаланың раўажланыўының алдын анық дуўа етиў арқалы алыў мүмкин екенине исенемен. 50-жасқа келгенде, еркектиң барлық «шығындылары» зǝҳǝрли ағыс пенен аға баслайды, егер ол жарып ɵтсе, онда бул ағыс оның ɵзин де алып кетиўи мүмкин. Ол бундай аўыр ўақытта беккем тура алыўы оның Қудайда беккемлениўине ҳǝм ɵзин Оған уқсас кɵре алыўына ғǝрезли. Қудай бизлердиң биринши гезекте Ɵзин излеўимизди ҳǝм Оның ўǝсиятын орынлап, Оны биринши орынға қойыўымызды, ал жеке ɵзимиздиң кɵз-қарасымызды екинши орынға қойыўымызды қǝлейди. Бизлер Қудай менен бирлескен ўақтымызда, Ол бизлердиң ɵмиримизди басқара баслайды. Ол бизлерге жол кɵрсетеди ҳǝм бизлер тек Оған ериўимиз керек. Бизлер Оған қарағанымызда, Оның уллылығының нуры бизлерде кɵринетуғындай дǝрежеде Қудайға сиңип кетсек, бизлер ҳақыйқый азатлықты аламыз. Бизлер бундай азатлықтың күйеўимизде болыўын қǝлеймиз. Қудайдың тǝбиятын түсинбестен алдын, күйеўиң ɵзин ҳақыйқатлықтың нурында кɵре алмайды. Күйеўиңе ɵзи ҳаққында ҳақыйқатлық ашылыўы ушын дуўа етип соран. #### ДУЎА Қудайым, ол (күйеўиңниң аты) ɵзин Саған уқсатып жаратылғанын кɵриўи ушын сорайман. Сениң кɵз алдыңда ɵзиниң баҳасын кɵриўине ҳǝм Сениң талапларыңа сǝйкес болыўына жǝрдем бер. Ол Сениң оған берген талантларыңды кɵре алсын ҳǝм оларды ылайықлы баҳаласын. Ол Сени ɵз кɵзи менен кɵрсин ҳǝм «Сен оны Ɵзиңнен пǝс қылдың, ҳүрмет тажын оған салтанат пенен бердиң. Бар жанзатты оның аяқларының астына қойдың» (Забур 8:6-7), — дегенди түсинсин. Оған жаман сɵзлер сɵйлейтуғын даўыслар үндемесин. Сениң даўысыңды еситиў ушын оның қулақлары ашылсын. Оған «Қудайдың уллылығы менен Оған уқсайтуғынын» (Коринф. 1-х 11:7), «ҳǝкимшилик ҳǝм бийликтиң басы Масих пенен қатнаста болып, толылыққа ерисетуғынын» (Колосалы 2:10 — қа қараң) кɵрсет. Оны қабыллайтуғыныңды ҳǝм оннан бас тартпайтуғыныңды кɵрсет ҳǝм бул оған тынышлық ҳǝм жанына қǝўипсизлик сезимин алып келсин. Гүманлар оның жанын қыйнамаўы ушын оны артықша ɵзин-ɵзи тексериўден азат ет. Сени қандай болсаң, сондайлығыңша кɵрсин. Ол Саған Масихтың кɵринисин алып келсин. ##### СЕНИҢ ДУЎАҢДЫ ҲƎРЕКЕТКЕ КЕЛТИРИЎГЕ ЖƎРДЕМ БЕРЕТУҒЫН МУХАДДЕС КИТАПЛЫҚ АЯТЛАР Ɵйткени Қудай Ɵзи бурыннан таңлаған адамларының Улына уқсаўы ушын, оларды алдын ала белгиледи. Солай етип, Қудай Ɵз Улының кɵп туўысқанлар арасында туңғыш болыўы ушын усылай иследи. (Рим 8:29) Бизлердиң ҳǝммемиз пердесиз жүз бенен Ийемиздиң уллылығын кɵремиз. Сол арқалы Оған уқсаў ушын ɵзгерип, уллылығын кɵремиз. Сол арқалы Оған уқсаў ушын ɵзгерип, уллылық үстине уллылыққа ерисип барамыз. Бул Руўх болған Ийемиздиң жǝрдеминде иске асады. (Коринф 2-х 3:18) Бир-бириңизге ɵтирик сɵйлемеңлер. Ɵйткени сизлер, ески тǝбиятыңызды оның жаман қǝлеўлери менен таслап, жаңа тǝбиятқа ийе болдыңлар. Бул жаңа тǝбиятқа ийе адам Қудайды толық билиў ушын ɵз Жаратыўшысына уқсап барады. (Колоса 3:9-10) Сɵзди тек тыңлаўшылар болып, ɵз-ɵзиңизди алдамаңлар, оны орынлаўшылар болыңлар. Егер ким де ким сɵзди тыңлап, оны орынламаса, ол ɵз тǝбийий келбетин айнада кɵрген адамға уқсайды. Себеби, ол ɵзин кɵрип болып, кетип қалады ҳǝм қандай екенин дǝрҳал умытады. Бирақ, азатлық бериўши минсиз нызамға анықлап қарайтуғын ҳǝм ол бойынша жасайтуғын адам умытшақ тыңлаўшы болмай, оны ис жүзинде қолланады. Бундай адам ɵз ислери менен бахытлы болады. (Яқып 1:23-25) Орныңнан тур, Ерусалим, сǝўлеңди шаш! Сен нурға бɵленип, жаратқан Ийениң нурлы салтанаты үстиңнен кɵтерилип киятыр. (Ийшая 60:1) # 29-БАП ## ОНЫҢ ИСЕНИМИ Ҳеш нǝрсеге исенбейтуғынын дǝлийллейтуғын адамды тыңлаў, мен ушын бǝрҳа күлкили. Буның ɵтирик екенин мен билемен. Барлық адамлар исеним менен жасайды, тек олардың исениминиң күшинде айырмашылық бар. Шыпакерге мүрǝжат еткенде, сиз диагноздың анық болыўын қǝлейсиз ҳǝм дǝриханаға рецепт кɵрсетип, онда жазылғанына исенесиз. Ресторанда аўқатланып отырып, сизге хызмет кɵрсетип атырған адамлардың сизлерди зǝҳǝрлемеўине исенесиз (дурыс, айырым ресторанлар басқасына қарағанда, исенимлирек). Бизлер күнде исенимниң түрли дǝрежесинде жүремиз. Ҳǝмме адам бир нǝрсеге исенеди. Қудай ҳǝр бир адамға «исеним берди» (Рим 12:3 — қа қараң). Неге исениўди биз ɵзимиз таңлаймыз. Айырым адамлар ɵзине исенеди, басқалары ҳүкиметке, ал үшиншилери жаўызлыққа, тɵртиншилери түрли нǝрсеге исенеди. Мысалы: илим, газета, ɵзин бағышлайтуғын мийнет, басқа адамға. Ал, айырымлары болса Қудайға исенеди. Маған таныс болған адамлардың ишинде тек бир ҳаял ҳеш нǝрсеге исенбейтуғын еди, бирақ ол ɵзиниң ɵмирин жиллиханада тамамлады, себеби ол есин жойтқан еди. Исенимсиз жасаў мүмкин емес. Исенимсиз ɵлиў де мүмкин емес. Бул ɵмирдиң шегине жеткенде, келешегимиз исенимимизге байланыслы. Егер сизлер Ийсаға исенсеңиз, онда келешегиңиз ушын тыныш болсаңыз болады, себеби «…ɵлимнен Ийса Масихты қайта тирилткен Қудайдың Мухаддес Руўхы …арқалы сизлердиң денеңизди де ɵлимнен тирилтип алатуғын болады» (Рим 8:11 — қа қараң). Басқа сɵз бенен айтқанда, егер Масихты тирилткен Руўх сенде жасаса, Ол Масихты тирилткендей, сени де тирилтеди. Ҳǝзирги ɵмиримиз келешегимизди белгилейди. Келешектеги мǝңгилик ɵмирге исенгенимиз, жердеги ɵмиримизге исеним береди. Қандай ǝжайып пикир! Соқырларды шыпалап Ийса оларға былай деди: «Исенимиңизге қарай берилсин» (Матта 9:29 — қа қараң). Қудайға исенимиңди қайтадан кɵрип шығыўды қǝлейсең бе? Егер аўа болса, онда бул жақсы, себеби усындай жағдайда биз ɵмиримиздиң барысына тǝсир ете аламыз. Бизиң ɵмиримиз жағдайдың еркине берилиўи мүмкин емес. Келешегимиз исенимимиз бенен белгиленеди. Ҳǝр биримизди ўақты-ўақты менен гүман орап алады. Ийсаның Ɵзи де Қудай Əкениң не ушын Ɵзин қалдырғанын сораған еди. Бул Оның Қудайдың бар екенине ямаса Оған жǝрдемге келиўине гүманланды дегенди билдирмейди. Ол тек таслап кетилемен деп күтпеген еди. Бизлер Қудайдың барлығына ҳǝм жǝрдемге келиўине гүманланбаймыз, бирақ бизлер Оның ɵмиримизге дǝрриў араласыўды қǝлеўине гүманланамыз. Əлбетте, Ол бизлердиң машқаламыз бенен шуғылланыў ушын жүдǝ бǝнт, — деп пикирлеймиз. Бирақ, ҳақыйқатында бул ондай емес. Күйеўиңди гүман жаўлап алды ма? Егер аўа болса, онда оның исеними беккемлениўи ушын ислеген дуўаларың оның ɵмиринде ҳақыйқый бурылыс алып келеди. Егер ол Қудайды билмесе де, сен оның жүрегинде исеним пайда болыўы ушын ҳǝм жаны тынышлыққа ийе болыўы ушын дуўа етиўиң мүмкин. Күйеўиңниң ɵмиринде Қудайға исенимин сындыра алатуғындай ҳеш нǝрсе жоқ. Ийса Ɵзине исенген ҳǝр бир адамда, «ишинен тири суў дǝрьясы ағады» (Юхан 7:38 — қа қараң), — деп айтқан. Ɵтмиштеги аўырыў, қорқыныш, қǝўетер, үмитсизлик, қапалық, гүманларды «жуўыў» ушын усының ɵзи жетерли. Келиң, дуўа етейик. #### ДУЎА Қудайым, оның (күйеўиңниң аты) исенимин усы бүгиннен баслап беккемле. Оған Сениң сɵзиңе, ўǝделериңе, жолыңа, уллылығыңа кɵбирек исениўине жǝрдем бер. Ол Сениң менен сɵйлесиўди ҳǝм даўысыңды еситиўди қатты қǝлесин. Ол Сени излесин ҳǝм ҳǝмме жерде Сениң менен бирге жүрип, Сени биринши орынға қойсын. Қудайым, Сен «исеним-еситиўден, ал еситиў-Қудайдың сɵзинен», — деп айттың (Рим 10:17 — қа қараң). Қǝлеген қыйыншылықты жеңиўине исениўи ушын, оны Ɵзиңниң сɵзиңе толтыр (Матта 19:26 — қа қараң). Сен ўǝде еткениңди орынлайтуғыныңа исеними беккемленсин (Рим 4:21 — қа қараң). Исеними оның қалқаны болсын. Исеними таўды орнынан қозғалта алатуғындай ɵмирине тǝсир етсин. Сениң сɵзиңде былай айтылған: «...ǝдил адам исеними менен тири» (Рим 1:17 — қа қараң). Оның исенимге толы ɵмири Саған унасын. Ол, «Сен Ɵзиңнен қорққанлар ушын жасырған, елдиң алдында Сени панам деп билгенлерге жаралған, жақсылықларыңның ғǝзийнеси қандай ǝжайып», екенине гүманланбасын (Забур 30:20 — қа қараң). ##### СЕНИҢ ДУЎАҢДЫ ҲƎРЕКЕТКЕ КЕЛТИРИЎГЕ ЖƎРДЕМ БЕРЕТУҒЫН МУХАДДЕС КИТАПЛЫҚ АЯТЛАР Бирақ, ҳеш гүманланбастан, исеним менен сорасын. Ɵйткени гүманланған адам самал менен шайқатылып тынышсызланған теңиз толқынына уқсайды. Ɵзиниң пүткил жолында турақсыз болған бундай еки ойлы адам Ийемизден бир нǝрсе аламан, деп ойламасын. (Яқып 1:6-8) …ал, исеним менен исленбеген ҳǝр бир ис-гүна. (Рим 14:23 — қа қараң) Ийса оларға: Исенимиңиз аз болғанлықтан. Мен сизлерге шынын айтып турман: егер исенимиңиз қышқыл туқымындай ғана болса да, бул таўға: «Усы жерден ана жерге кɵш!» десеңлер, ол кɵшеди… (Матта 17:20 – қа қараң) Мен Масих пенен бирге атанақ ағашқа шегеленгенмен. Енди жасап атырған мен емес, ал менде Масих жасап атыр. Ҳǝзир денеде жасап атырған ɵмиримде, мени сүйген ҳǝм мен ушын ɵзин қурбан қылған Қудайдың Улына деген исенимим менен жасап атырман. (Галат 2:20) Солай етип, исеним менен ақланғанымыз себепли, Ийемиз Ийса Масих арқалы Қудай менен жарастық. (Рим 5:1) # 30-БАП ## ОНЫҢ КЕЛЕШЕГИ Адам ɵзиниң тиришилигиниң мǝнисин ҳǝм мақсетин билиўи керек. Бул болмаса бизлер ɵмиримизде мақсетсиз жүремиз, ɵмир мǝниссиз кɵринеди ҳǝм ǝсте набыт боламыз. Жоқарыдан «Аян болмаса халық жолдан адасады…» (Сулайман. нақ. мақ. 29:18 — қа қараң). Ɵзиниң келешегин түсиниў дегенде, ɵмиринде болатуғын ўақыялардың майда-шүйделерин билиў дегени емес. Бул жерде неге арналғаныңды түсиниў ҳǝм ǝжайып келешегиңе исениўиңди түсиниў мүмкин. Бирақ бундай аянға ҳǝмме адамлар да ийе емес. Оған ийе болмағанлар ǝсте набыт болады деп айтыў мүмкин. Бирақ оған ийе болғанлар да ўақты-ўақты менен оны жойтады. Ҳǝтте, қатты руўхый ɵскен адам да шаршайды, қапа болады, бағытын жойтады, Қудайдан алыслайды, ɵзин ҳǝм келешегин түсиниўди тоқтатады. Ол ɵмириндеги ҳақыйқый мақсетти жойтыўы мүмкин. Үмитсизликке түсип, ɵзи ҳаққында ҳақыйқатты умытып ҳǝм ɵзиниң жағдайын дурыс түсиниўди тоқтатып, адам келешегиндеги ɵтирикке исене баслайды. «Аянның жетиспеўшилигинен мениң халқым жоқ болады…» (Осия 4:6 — қа қараң). Қудай бизлерге ɵтирик сɵйлейтуғын даўысты тыңламаўымыз керек екенин айтады, себеби олар «ɵзиниң жүрегиндеги ǝрманын айтады, ал Қудай аўзынан емес» (Еремия 23:16 – қа қараң). Келешегинде үмит ҳǝм қуўанышы жоқ түрли ойлар, Қудайдан емес (Еремия 29:11 — қа қараң). Бирақ Қудай жоғалған үмитти қайтара алады. Ɵтирикти, кеўил қалыўды жеңиў ушын Оның күши жетерли. Бул мақсетке жетиў усылы-бул дуўа. Күйеўим маған, Лос-Анджелестен Нашвиллге кɵшип ɵткенимизде мениң дуўаларымның тǝсирин анық сезгенин айтты. Сол ўақытта бизлерге, жақын адамларымыздан айырылып, ҳǝммесин жаңадан баслаў аўыр еди. Картаға кɵп нǝрсе қойылған еди. Бизлер алдымызда не болатуғынын билмеген едик, бирақ, бизлер Қудайдың ерки менен ҳǝрекет етип атырғанымызға ҳǝм Қудайдың қол астында қǝўипсизликте болатуғынымызға исенетуғын едик. Келешегине үмитин жоғалтпаўы ушын мен Майкл ушын дуўа етер едим. Қолайсыз жағдайларда оны руўхый кɵриў тǝрк еткенде, мениң дуўаларым, оның айтыўы бойынша оған жǝрдем беретуғын еди. Бизлер Қудай Əкениң Ɵз ўǝсиятын дүзгенин ҳǝм Ɵзиниң байлықларын балаларына теңдей бɵлгенин есте тутыўымыз керек. Оған тийисли болғанлары бизлерге де тийисли, себеби бизлер «Қудайдың мийрасхорымыз... Масих пенен бирге мийрасхормыз» (Рим 8:17 — қа қараң). Мен бул ўǝсияттың кɵширмесин оқыдым ҳǝм Қудайдың бизлер ушын сақлап қойған нǝрселерин кɵз алдымызға да келтире алмайтуғынымызды билемен, себеби оны: «…кɵз кɵрип, қулақ еситпеген, адам ойына кирип те шықпаған нǝрселерди, Қудай Ɵзин сүйетуғынлар ушын таярлап қойыпты» (Коринф 1-х 2:9 — қа қараң). Ол «гүнасызлар жақсылықты мийрас етеди» деп ўǝде етеди (Сулайман. нақ. мақ. 28:10 — қа қараң). Ол бизлерге бул дүньяда керекли нǝрселерди ўǝде етип қоймастан, ɵлимнен кейин аспанда бизлерди не күтип турғанын айтады. Бизлер Қудай менен бирге болған жерде, бизлерде мүтǝжлик болмайды. Егер күйеўиңниң дыққаты күнделикли асығыўшылықлардың ғамы менен толы болса, егер ол ɵзиниң келешегин кɵрмесе, сениң дуўаларың оның кɵзлерин аспанға кɵтериўге жǝрдем береди. Олар оған келешегиниң Қудайда екенин, ал оның ɵмири бул-усы келешекке жол екенин ашады (Коринф 1-х 9:24 — қа қараң). Күйеўиң ɵмиринде ɵзиниң басшылығы менен жүрип, ақыбетинде жолдың ақырында сыйсыз қалыўын қǝлейсең бе? Яқ, сен оның затларға Қудайдың кɵзи менен қараўын қǝлейсең. Қудай бизлердиң келешегимизди билгенимизди қǝлемейди, бирақ Ол бизлердиң Ɵзин билиўимизди қǝлейди. Ол келешегимизди Ɵзине исенип тапсырыўымызды қǝлейди. Қудайдың қолын кɵриўимиз ушын бизлер, жаңа адым атпастан алдын Қудайдың барлығын излеўимиз керек. «Қудайды излегенлер ҳǝммесин кɵреди» (Сулайман. нақ. мақ. 28:5 — қа қараң). Оның жуўапларын еситиў ушын бизлер Оған жақын болыўымыз керек. Қудай бизге түсиник береди, соның ушын күйеўиң Оған қараўы ушын ҳǝм Оның жуўабын күтиўи ушын дуўа ет, себеби оның келешектеги бахты тек Қудайдан болады. #### ДУЎА Қудайым, Сеннен ɵтинемен: ɵзиниң неге арналғанын түсиниўи ушын оған (күйеўиңниң аты) жǝрдем бер. Сен оған тек жақсылық тилеп, келешек ҳǝм үмит бериўиңди кɵриўи ушын жǝрдем бер (Еремия 29:11 — қа қараң). Оған Ɵзиңниң нийетиңди аш ҳǝм даналық, руўхый аян бер. Ол ɵмиринде Сениң менен бирге жүриўге ылайықлы болып, жақсы ислеринде жақсы жемис алып келсин ҳǝм Сени билиўде ɵссин (Колоса 1:9-10 — қа қараң). Мухаддес Руўх оған жол кɵрсетсин ҳǝм оны түрли гүман ҳǝм қорқынышлардан азат етсин. Күнде Сенде беккемленип барыўына, Сенде ɵзиниң ǝрманларын ашыўына ҳǝм адамлардың қолынан келмейтуғын Қудайдың қолынан келетуғынын билсин (Лука 18:27 — қа қараң). Оған Ɵзиңниң мақсетлериңди аш ҳǝм оның ɵмири келешекке жол болатуғындай етип жасаўға үйрет. Ɵмириниң ақырына дейин ол Саған хызмет етиўи ушын дуўа етемен. Ɵмириниң мақсетин кɵриўге жǝрдем бер ҳǝм келешегине «жаны ушын кемениң кɵшкиси сыяқлы исенимли ҳǝм беккем» үмит бер (Еврей 6:19 — қа қараң). Оған «жүрегиниң қǝлеўин» бер (Забур 20:3 — қа кɵриң) ҳǝм «Сениң атыңнан қорқатуғынлар мийрасын» бер (Забур 60:6 — қа кɵриң). Оны қартайғанда да жақсы жемис алып келиўи ушын үйиңе отырғыз (Забур 91:14-15 — қа қараң). Оның Сениң менен бирлесиўи ушын бул жерди таслап кететуғын ўақты келгенде, оның беккем исеними мǝңгилик ɵмирге ɵтиўде жеңил ҳǝм аўырыўсыз, тынышлық ҳǝм қуўаныш пенен болсын. Сол күнге дейин ол Сенде ийе болған бузылмайтуғын келешегин сақлап қалсын. ##### СЕНИҢ ДУЎАҢДЫ ҲƎРЕКЕТКЕ КЕЛТИРИЎГЕ ЖƎРДЕМ БЕРЕТУҒЫН МУХАДДЕС КИТАПЛЫҚ АЯТЛАР Себеби, тек Мен сизлерге деген нийетимди билемен, бул келешек ҳǝм үмиттен ибарат болған жақсылық, ал жаманлық емес, — деди Қудай. (Еремия 29:11) Жүреги пǝк адамға қара, туўры адамды гүзет. Бундай адамның келешеги жақсы. Бирақ, ǝдалатсызлар набыт болады, гүнакарлардың урпағы қырып тасланады. (Забур 36:37-38) Қудайдың үйинде отырғанлар, Қудайдың үйиниң алдында жайнап-жаснайды. Қудайдың ǝдиллигин айтады, панам Ол, Онда ǝдалатсызлық жоқ, дейди. (Забур 91:14-16) Қудайдан бир тилегим бар, тек соны излеймен: Қудайдың үйинде мǝңги турайын, Қудайдың жамалын кɵрип, Оның ибадатханасын зыярат қылайын. (Забур 26:4) Сениң келешегиңе үмит бар… (Еремия 31:17 — қа қараң)