Джош Макдауэлл ОЛ ӘПИЎАЙЫ АҒАШ УСТАСЫ ЕМЕС Редакциядан — Бундай даналық ҳәм бундай уллылықты бул адам қай жерден алған? Ол бизлерге таныс уста болған Юсуптың улы емес пе? — деп ески Назарет қаласының турғынлары ҳайран қалысты. — Ол Ким өзи?! — деп оның жақын дослары да қатты бақырыўдан өзлерин услап тура алмады… Мине еки мың жылдан берли бул сораў ана я мына түрде ҳәр қыйлы тиллерде еситилип атыр. Бул адамның аты миллионлаған адамлардың аўзынан түспейди. Джизас Крайст… Жэзю Крист… Ийса Масих — мине усындай түрде Оның аты оқырманларымыздың көпшилигине белгили. Бул китап дәл Оған арналған. Студет жылларында жас америкалы Джош Мак-Дауэлл Масихқа исениў — бул ахмақлық дегенди билдиретуғынына толық исенимли еди. Исениўши адамларға ол жоқарыдан қарайтуғын еди. Олардың үстинен күлетуғын ҳәм олар менен тартысатуғын еди. Масихыйлардың қәтелесетуғынын дәлиллеў мақсети менен ол еки мың жыллықтағы ҳүжжетлерди өз бетинше изертлеўди шешти… Усының нәтийжесинде келген шешимлери менен Джош Мак-Дауэлл усы кишкене китабында бөлиседи. Ҳәзирги ўақытта профессор Дж. Мак-Дауэлл — тарийх ҳәм философия тараўының қәнийгеси. Ол еки жоқарғы оқыў орнын тамамлады, сондай-ақ дин тәлийматы илими кондидатының жоқарғы илимий дәрежесине ийе. Ол көплеген еллерде лекто ҳәм апологетика бойынша китаплардың авторы сыпатында белгили. (Масихыйлық апологетика — бул тарийх ҳәм масихыйлық тастыйықлаўдың ҳақыйқат екениниң дәлиллерин үйренетуғын дин тәлийматының тараўы). Джош Мак-Дауэлл өзиниң лекциялары менен елиў еки мәмлекеттиң бес жүзден аслам университетлеринде шығып сөйледи. Оны тыңлаўшылардың саны үш миллионға жетти. Оның биринши китабы («Evidence That Demands a Verdict») үлкен тиражда тарқалды ҳәм оның лекциялары, китаплары, талқылаўлары ҳәм фильмлериниң дерлик ҳәммесин бир тема бирлестиреди — бул Ийса Масих. Ҳәзир қолыңызда услап турған китаптың бетлерин аша, отырып оның Ийса Масих ҳаққында айтып атырып балалығынан атеизм руўхында тәрбияланған совет оқырманлары ушын әҳмийетли болған бир сораўды үндемей айланып өтетуғынын көриў қыйын болмайды. «Ийса Масих ҳақыйқатында бар болған ба? Бул руўханийлер ҳәм езиўшилердиң ойлап тапқанлары емес пе? Ийсаның ҳеш қашан болмағаны илимде дәлилленбеди ме?». Ҳақыйқатында, 1964-жылы Москва қаласында баспадан шыққан Энциклопедиялық сөзликтиң екинши бабында мыналар айтылады: «Ийса Масих масихыйлықтың әпсаналық тийкарын салыўшысы…» (618-бет). Онда гәп неде? Китап авторының бул сораў бойынша үнсизлиги жүдә әпиўайы түсиндириледи. Гәп бул китаптың бастан-ақ батыс оқырманлары ушын арналғанында. Ал батыста Ийса Масихтың тарийхый жеккелик сыпатында ҳеш ўақытта жасамағанын тастыйықлайтуғын бир илимпаздың табылыўы нагүман. Соның ушын Америка оқырманларын Ийсаның жерде жасағанына исендириў ахмақлық болады. Бул онысыз-ақ ҳәммеге белгили. Бирақ Масих «жасамады» деп айтыўшылардың тәрепдарлары советлик тарийх илиминде де аз қалғанына көплеген оқырманлар таң қалады. Илимий мағлыўматларды изертлеп атырып совет тарийхшылары «әпсаналық теория»ның дурыслығының нагүман екенин әлле-қашан тән алыўды баслады. Мине тарийх илиминиң докторы И. Свенцицкийдиң «Илим ҳәм дин» журналынан алынған мақаласынан үзинди. «Бизлердиң илимимизде ҳәзирги ўақытта бул сораў бойынша жалғыз көзқарас жоқ. Көплеген илимпазлар узақ ўақыт даўамында әпсаналық көзқарасты ислеп шығарды (Р. Ю. Виппер, А. Б. Ранович, С. И. Ковалев, Я. А. Ленцман, И. А. Крывелев). Бул көзқарас тәрепдарларының тийкарғы негизлерин еки жағдайға келтириўге болады: бизиң эрамыздың 1-әсириндеги масихый емес авторларда Ийса ҳаққында еске алыўдың жоқлығы ҳәм Ол туўралы адамның анық келбетине ийе болған образдағы Қудай сыпатында деген ертедеги көзқарастан Масихтың образының раўажланыўы. Әпсаналық теория тәрепдарларының көзқарасы бойынша масихыйлық өзинде бизиң эрамыздың II әсиринде қудайлығы адамға айналдырылыўға дуўшар болған түрли қуяшлы сыйыныўлардың раўажланыўын ҳәм бирлесиўин көрсетеди. Бирақ таза мағлыўматлардың жыйналыўы басқа изертлеўшилердиң Ийсаның — Галилалы ўазшының тарийхта бар болыў мүмкинлиги туўралы сораўды қойыўына алып келди (А. П. Каждан, И. Д. Амусин, М. М. Кубланов, сондай-ақ усы қатарлардың авторы). Иосиф Флавияның мысалында көргенимиздей, масихый емес авторлардың үнсизлиги өзгермейтуғын негиз емес; Масихтың образының раўажланыўына келсек, онда оны тек барлық масихыйлық шығармалардың ўақыт избе-излигиндеги ўақыя тәртибин ҳәм идеологиялық бағдарын есапқа алып ғана гүзетиўге болады. Таза мағлыўматлардың жыйындысы әпсаналық мектеплердиң айырым тәрепдарларының орнының азғантай өзгериўине алып келди: усылай, Я. А. Ленцман 1958-жылы «Масихыйлықтың келип шығыўы» атлы китабында илимий дәлиллеўлер Ийсаның тарийхта бар болыў пайдасына гуўалық етпейтуғынын жазды, ал тоғыз жылдан кейин «Хош Хабарларды салыстырып» атлы китабында ол бул сораўды ашық қалдырды ҳәм әпсаналық көзқарасты абсолютликтен қорғады. Сондай-ақ Ф. Энгельстиң «әдет болған үрип-әдетлер менен гүресиўшилериниң ҳәммеси сыяқлы көп нәрсени ҳәдден тыс ислегени…» ушын әпсаналық көзқарастың тийкарын салыўшылардың бири болған Бруно Бауэрди критикалағанын умытпаў керек. Усының менен байланыслы Энгельс Бауэрде «Ийса ҳәм Оның шәкиртлери туўралы Жаңа Келисимде айтылыўы ушын барлық тарийхый негиздиң жоқ болатуғынын» айтып өтти. («Илим ҳәм дин», 1977-жыл, 12-сан, 64-65-бет). Бул сораў бойынша басқа совет булақларының да сөзлерин келтириўге болады. Қызығыўшы оқырманларға соңғы жыллары «Илим ҳәм дин» атлы журналды жиберемиз. Бирақ бир нәрсе анық: егер Ийса Масих ҳақыйқатында бар болған болса ҳәм Оның изине ериўшилердиң саны дүньяда тынбай көбейип атырған болса, онда «Ол Ким?» деген сораў ҳәр бир адам ушын биринши дәрежели әҳмийетликке ийе болады. Масихқа Қудай сыпатында исениўине адамларды не нәрсе алып келеди? Масихыйлардың өмири исенбеўшилердиң өмиринен не менен ажыралады? Жаңа Келисимниң ишине киретуғын мағлыўматлар ол туўралы не айтады? Заманагөй билимли адам Масихтың қайта тирилгенине исене ала ма? Ал илим менен қалай болады? Усы ҳәм усыған уқсаған сораўларға Джош Мак-Дауэлл қолдан келгенше жуўап бериўге ҳәрекет етеди. Солай екен, оқырманларда усы темаға байланыслы басқа сораўлар да пайда болады. Ол бир китапта таўсылмайды. Жуўапларды қай жерден табайық? қалаңызда исениўшилер жыйналатуғын ибадатхананы (ямаса «ибадат ететуғын үйди») табыўға ҳәрекет етиң ҳәм оларға хабарласың. Олар сизлерде пайда болған қәлеген сораўларға шын жүректен жуўап береди. Мысалы ушын, Москва қаласында оларды мына адрес бойынша табыўға болады: Киши Вузовский бурылысы, з, ҳәр екшемби күни. Сизлер олар менен егер бирден болмаса, онда ўақыттың өтиўи менен досласасыз, олар сизлерге Ийса Масих ҳаққында мағлыўматлардың биринши булағы болып хызмет ететуғын китап — Мухаддес Китапты оқыў ушын алыўыңызға жәрдем береди. Биринши булақ пенен танысыў ҳақыйқатты өз бетинше излеўди қәлейтуғын ҳәр бир адам ушын зәрүр. Соның ушын автордың Мухаддес Китаптан келтирген ҳәр бир үзиндисин оқырман толық үйрениўи керек. Ал буның ушын, әлбетте, я толық Мухаддес Китапқа, я болмаса Жаңа Келисимге ийе болыўы керек. Буннан тысқары, автор көбинесе цитатаны келтирмейди, ал Мухаддес Китаптағы белгили бир жерин дәлил етип келтиреди. Бундай жағдайларда ол китаптың атын, бабын ҳәм аятын қысқаша көрсетеди. (Белгили болғанындай, Мухаддес Китап — бул 66 китаптан қуралған жыйнақ. Қысқартылған дизимге қараң). Автордан Ийса адамзатқа дерлик 2000 жыл алдын келди. Ол гедей шаңарақта, кишкене яҳудий қаласында туўылды. Пүткил өмирин дүньядағы ең кишкене, соның менен бирге жат жерлилер басып алған еллердиң биринде өткерди. Ол отыз үш жыл жасады, өмириниң тек соңғы үш жылын адамларға хызмет етиўге бағышлады. Онда не ушын дүньядағы дерлик барлық адамлар ҳәзирге дейин Ол туўралы еслейди? Өткени календарымыздың ҳәр бир бети, баспадан шыққан, жылы жазылған китаптың қәлеген бети Ийсаның Жерде қашанлардур барлық жасалған өмирлердиң ең әжайыбын жасағаны туўралы еслетеди. Бир күни атақлы жазыўшы ҳәм тарийхшы Г. Дж. Уэллден, оның пикиринше тарийхый жеккеликлердиң қайсысы адамзат тарийхында ең белгили изди қалдырғанын сорады. Ол, егер инсанлық уллылықты тарийхтың тереңлигинде өлшесек, онда «сөзсиз биринши орынды Ийса ийелейди» деп жуўап берди. Тарийхшы Кеннет Скотт Латуретт былай деп айтты: «Әсирлер өтеди ҳәм ҳәр бир Адам өзинен кейин қашанлардур дүнья жүзинде пүткил жасап өтилгенлердиң ең әҳмийетлиси болған Ийсаның өмир тарийхының барысына тәсир етиў мәнисинде жаңа дәлиллерди қалдырады. Буннан тысқары, бул тәсир «ҳәлсиз болмайды, ал әсирден әсирге күшейеди». Эрнест Ренан мынадай гүзетиўлерди иследи: «Ийса — пүткил адамзат тарийхындағы ең уллы диний данышпан. Оның сулыўлығы мәңги ҳәм оның патшалығының ақыры жоқ. Ийса барлық қатнасларда әжайып, пүткил тарийхта оның қасына қойыўға ылайықлы болған бирде бир жеккелик жоқ. Масихсыз адамзат тарийхын түсиниў мүмкин емес». 1-бап. Оның айрықшалығы неде? Жақында мен Лос-Анджелесли адамлардың бир топары менен сөйлесип, олардан былай деп сорадым: — Сизиң пикириңизше, Ийса Масих Ким болған? — Ол уллы диний басшы болды, — деп маған жуўап берди. Яқшы, мен буған келисемен. Әлбетте, Ийса Масих уллы диний басшы болды. Бирақ оның тек ғана уллы диний басшы емеслигине исенемен. Әсирлер даўамында адамлар Ийсаның ким болғаны туўралы тартысты. Не ушын бул адам себепли сонша тартыслар болды? Не ушын оның аты адамларда басқа диний басшыларға қарағанда күшлирек тәсир келтиреди? Ийса олардан соншелли не менен ажыралады? Не ушын Будда, Мухаммед ҳәм Конфуциялардың атлары усындай күшли тәсирди келтирмеди? Себеби тек Ийса Өзин Қудай деп жәриялағанында: басқалардан айырмашылығы усында. Ийсаны билген адамлар Оның Өзине таң қаларлы қәсийетлерди беретуғынын жүдә тез түсинеди. Оның сөзлеринен, Ол Өзин тек ғана пайғамбар ямаса устаз емес, ал Қудай менен туўысқанлыққа анық талапланатуғыны түсиникли еди. Ол тек жалғыз Өзинде ғана Қудайға, гүналардың кеширилиўине ҳәм қутқарылыўға жол бар екенине исендирди. Көпшиликке бундай артықмашылық өзлерин ҳәдден тыс шеклейтуғындай көринеди ҳәм олар буған исениўди қәлемейди. Бирақ ҳәзирги ўақытта гәп бизлердиң неге исениўди қәлеўимиз ямаса қәлемеўимизде емес. Ҳәзирше сораў басқа нәрседе: Ийсаның Өзи Өзин Ким деп санайды? Бул тема бойынша Жаңа Келисимде бар болған мағлыўматлар не айтады? Көбинесе «Масихтың қудайлық болмысы» деген сөзлерди еситиўге туўра келеди. Ийса Масих — Қудай деп нәзерде тутылады. А. Х. Стронг өзиниң «Систематикалық теология» атлы китабында Қудайдың мына белгилерин усынады: «Бул пүткил жанзат өзиниң басламасын, басқарып атырған күшин ҳәм жуўмағын табатуғын шексиз ҳәм әпиўайы руўх». Бул анықлама қәлеген исеним ушын, соның менен бирге ҳәм мусылманлар, ҳәм иудаистлер ушын туўра келеди. Теизм Қудай жеккелик, әлемди Ол ойлап тапты ҳәм жаратты деп үйретеди. Онда Қудай өмирди қоллайды ҳәм оны ҳәзирге шекем басқарады. Масихыйлық тәлиймат бул анықламаға және бир нәрсени қосады: «Назаретли Ийсаға енген». Ийса Масих — бул әпиўайы ат емес. Бул атақ. «Ийса» деген ат грекше вариантта Йешуа (ямаса Йошуа) деген аттан келип шығып, аўдармада «Қутқарыўшы — Иегова» ямаса «Қутқарыўшы Ийемиз» дегенди аңлатады. «Масих» деген атақ болса грек тилинен алынған ҳәм ол «Мессия» (иврит тилинде — «Машиах», Даниел 9:26) ямаса «майланған» дегенди аңлатады. Бул («Масих») атақ бир ўақыттың өзинде патшалық ҳәм руўхый ўазыйпаны нәзерде тутады ҳәм Ийсаны Ески Келисимде пайғамбаршылықлар тәрепинен уллыланған руўханий ҳәм патша сыпатында тастыйықлайды. Бул тастыйықлаў Ийсаны ҳәм масихыйлықты түсиниў ушын шешиўши әҳмийетке ийе. Жаңа Келисим Масихты Қудай сыпатында анық сүўретлейди. Жаңа Келисимде Масихты атаған атларды тек Қудайға қолланыў орынлы. Мысалы ушын, Ийса мына гәпте Қудай деп аталады «Және де, ол бизлерге ҳәзирше, мүбәрек үмитимиздиң, яғный уллы Қудайымыз ҳәм Қутқарыўшымыз болған Ийса Масихтың салтанат пенен келиўин күттиреди» (Титус 2:13, Юхан 1:1, Еврей 1:8, Рим 9:5, Юханның 1-хаты 5:20, 21). Мухаддес Жазыў Оған тек ғана жалғыз Қудайға тән болған сыпатларды береди. Бизлер Ийса өмирдиң булағы (Юхан 1:4, 14:6); Оның ҳәмме жерде (Матта 28:20, 18:20); ҳәмме нәрсени көриўши (Юхан 4:16, 6:64; Матта 17:22–27); уллы (Аян 1:8, Лука 4:39–5:5, 7:14, 15; Матта 8:26, 27) ҳәм өлмейтуғын мәңги (Юханның 1-хаты 5:11, 12, 20; Юхан 1;4) екенин билип аламыз. Ийса тек Қудайға тийисли болған ҳүрмет ҳәм сыйыныўды қабыл етти. Шайтан менен сөйлесип атырып, Ийса: «…Қудай — Ийеңе сыйынып, тек Оған хызмет ет!» — деп Мухаддес Жазыўда айтылған-ғо, — деди» (Матта 4:10). Солай болса да, Ийса ҳүрметти Қудай сыяқлы қабыл етти (Матта 14:33; 28:9), ал гейде Қудайға тийисли болған ҳүрметти талап етти (Юхан 5:23; Еврей 1:6; Аян 5:8–14). Ийсаның изинен ериўшилердиң көпшилик бөлеги жалғыз бир Қудайға исенетуғын диншил яҳудийлерден ибарат еди. Олар пүткиллей монотеистлер еди ҳәм солай болса да олар Онда адамға уқсатылған Қудайды тән алды. Руўханий болыўға таярланған ҳәм ҳәр тәреплеме билим алған Павел Ийсаның қудайлық болмысын мойынлаўға ҳәм Назаретли адамды Ийем деп атап, Оған сыйыныўға басқалардан аз таяр болыўы керек еди. Бирақ Павелдиң өзи буны мойынлап, былай деп айтты: «Өзлериңизге ҳәм Мухаддес Руўх сизлерди бағыўшы қылып қойған пүткил сүриўге көз-қулақ болыңлар! Қудайдың Өз Улының қаны менен сатып алған исениўшилер жәмәәтин бағыңлар!» (Елшилер 20:28). Кейин, Масих Петрдан Өзин Ким деп есаплайтуғынын сораған ўақытта Петр: «Сен — Масихсаң, тири Қудайдың Улысаң» (Матта 16:16), — деп жуўап берди. Ийса Петрдиң ислеген шешимин я жоққа шығармады, я анықластырмады, ал оны тастыйықлады ҳәм мағлыўматтың булағын көрсетти: «Юнустың улы Симон, сен бахытлысаң! Саған буны адам баласы емес, ал аспандағы Әкем ашып билдирди» (Матта 16:17). Ийсаны жақыннан билетуғын Марта Оған: «Аўа, Ийем. Сениң дүньяға келетуғын Масих, Қудайдың Улы екениңе исенемен» (Юхан 11:27), — деп айтты. Кейин Насырадан жақсы нәрсе шығар ма еди деп есаплаған Натаниел де Ийса менен сәўбетлескенинде: «Устаз, Сен Қудайдың Улысаң, Сен Израилдың Патшасысаң!» (Юхан 1:49), — деп мойынлады. Степанға тас ылақтырып атырған ўақытта ол жоқарыға қарап: «Ийем Ийса, руўхымды қабыт ет» (Елшилер 7:59), — деп дуўа етти. Еврейлерге жазылған хаттың авторы Масихты Қудай деп атайды: «О Қудай, Сениң тахтың мәңги турады, Патшалық бийлигиң — әдил бийлик» (Еврей 1:8). Шомылдырыўшы Яқыя Ийсаның келиўин: «Мухаддес Руўх кептер пишинде Оның үстине түсти. Сонда аспаннан: — Сен — Мениң сүйикли Улымсаң, Мен Саған ырзаман, — деген саза еситилди» (Лука 3:22), — деген сөзлер менен жәриялады. Ақыр-ақыбет, бизлерде ҳәмме «исенбейтуғын Томас» сыпатында таныйтуғын Томастың тән алыўы бар. Минези бойынша ол, бәлким, ҳәзирги талабаларға уқсайтуғын шығар. Ол: «Оның қолларындағы шеге излерин көрмегенимше, бармағым менен шеге излерин ҳәм қолларым менен Оның бүйирин услап көрмегенимше, исенбеймен», — деп айтты. Мен оны жақсы түсинемен. Заманагөй тилде айтқанда, ол: — Билесиз бе, ақыр-ақыбет адамлар күнде өлимнен қайта тирилмейди ҳәм өзлерин денедеги Қудай деп көрсетпейди. Маған дәлиллер керек! — деп айтты. Томас өзиниң гүманларын басқа шәкиртлерге айтқанынан сегиз күн өткеннен кейин, «үйдиң қапылары илик болғанда, Ийса келип, олардың ортасында турды да: — Тынышлық сизлерге яр болсын! — деди. Соңынан Томасқа: — Бармағыңды берман соз. Қолларыма қара, қолыңды созып, бүйиримди услап көр. Гүманланбай, исен, — деди. Томас Оған жуўап берип: — Ийем мениң, Қудайым мениң! — деди. Ийса оған: — Сен Мени көргенликтен исендиң. Бирақ көрмей исенгенлер қандай бахытлы! — деди (Юхан 20:26–29). Яғный, Ийса Өзине деген мүрәжәтты Қудай сыяқлы қабыл етти. Ол Томасты ҳүрмети ушын емес, ал исенбегени ушын ҳүким етти. Қандай да критикалаўшы Масих ҳаққындағы усы барлық мағлыўматлардың Оның Өзинен емес, ал басқалардан шыққанына қарсы болыўы мүмкин. Айырым ўақытлары студентлер сабақ ўақтында маған Масихтың заманласлары Оны ҳәзир бизлер түсинбейтуғынымыз сыяқлы түсинбегенин айтады. Яғный, басқаша сөз бенен айтқанда, Масих Өзин Қудай деп есапламады. Ийса Өзин Қудай деп есаплағанына мениң ҳеш гүманым жоқ. Мениң бул исенимим ең дурыс түрде Жаңа Келисимниң текстлери менен беккемленеди. Бундай орынлар жүдә көп ҳәм олардың мәниси улыўма түсиникли. Бир саўдагер өзи ушын Масих Өзин Қудай деп есаплағанын ямаса есапламағанын анықлаў ушын Мухаддес Жазыўды узақ ўақыт үйренди. Ҳәм ақыр-ақыбет ол былай деп айтты: — Жаңа Келисимди оқып, Масихтың Өзин Қудай деп есаплағанын көрмеген адам әпиўайы соқыр. Бул көшеде сейил етип, қуяшты көрмей турман деп айтыў менен барабар! Юхан жазған Хош Хабарда Ийса ҳәм яҳудий басшыларының ортасындағы тартыс сүўретленген. Ийса ләң адамды дем алыс күни шыпалады ҳәм оған: — Орныңнан тур, төсегиңди ал да, жүр, — деди. «Сонлықтан, бундай ислерди дем алыс күни ислегени ушын, яҳудий басшылары Ийсаны қуўдалай баслады. Бирақ Ийса оларға былай деп жуўап берди: — Әкем усы күнге дейин мийнет етип киятыр, Мен де мийнет етип атырман. Сол себепли яҳудий басшылары Оны өлтириў ушын және де көбирек ҳәрекет етти. Өйткени Ол тек дем алыс күнин бузып ғана қоймай, Қудайды Әкем деп, Өзин Қудайға теңлестирген еди» (Юхан 5:16–18). Әлбетте, маған былай деп қарсы шығыўы мүмкин: — Тоқта, Джош, мен де: «мениң әкем ҳәзирге шекем ислеп атыр, мен де ислеп атырман», — деп айта аламан. Буннан не шығады? Бул еле ҳеш нәрсени дәлиллемейди. Буған мен келеси сөзлер менен жуўап бере аламан. Қәлеген ҳүжжетлерди изертлеп атырып, бизлер барлық ўақытта тил ҳаққында, сол заманның мәденияты ҳаққында ҳәм ең баслысы ана яки мына сөзлердиң кимге қаратылғанын есте тутыўымыз керек. Ҳәзирги жағдайда гәп яҳудийлердиң мәденияты ҳаққында кетип атыр ҳәм Ийсаның сөзлери яҳудий басшыларына қаратылған. 2000 жыл алдын яҳудийлер өзлериниң мәдениятының ишинде Ийсаның сөзлерин қалай түсингенин көрейик. «Сол себепли яҳудий басшылары Оны өлтириў ушын және де көбирек ҳәрекет етти. Өйткени Ол тек дем алыс күнин бузып ғана қоймай, Қудайды Әкем деп, Өзин Қудайға теңлестирген еди» (Юхан 5:18). Бундай ғәзеплениўди не келтирди? Мине мына нәрсе: Ийса «бизлердиң Әкемиз» деп емес, ал «Мениң Әкем» деп айтты, соның менен бирге «усы күнге шекем мийнет етип киятыр» деген сөзди қосты. Усының менен Ол Өзин Қудайға теңлестирди ҳәм Өзиниң ҳәрекетлерин Қудайдың ислери менен бир дәрежеге қойды. Яҳудийлер Қудайды «Мениң «Әкем» деп атамайтуғын еди. Ал егер айырым ўақытлары солай атаған болса да, онда тек: «Аспандағы Әкемиз» деп айтатуғын еди. Ийса болса буны ислемеди. Ол Қудай туўралы «Мениң Әкем» деп айтқан ўақтында, бул сөзлери яҳудийлер түсине алмайтуғын тастыйықлаўдан ибарат болды. Соның менен бирге, Ийса, Қудай мийнет етип атыр екен, Ол, Қудайдың Улы да мийнет ететуғынын нәзерде тутты. Яҳудий басшылары Оның — Қудайдың Улы екенин аңлататуғын сөзлериниң мәнисин жақсы түсинди. Олардың Масихқа деген ғәзеби нәтийжеде және де күшлирек болды. Егер алдын олар оны тек қуўдалаўға ҳәрекет еткен болса, онда енди олар Оны өлтириўге ҳәрекет етти. Масих Қудайды Әкем деп атап, Қудай менен тек ғана теңлигине талапкер болып қоймастан, Ол Өзин ҳәм Қудайды — бир пүтин деп тастыйықлады. Ерусалимде Ибадатхананы Бағышлаў байрамы ўақтында яҳудий басшылары Ийсадан Оның Масих я Масих емеслигин сорады. Ийса олардың сораўына тастыйықлаў менен жуўап берди ҳәм: «Мен ҳәм Әкем бирмиз» (Юхан 10:30), — деп қосты. «Сонда яҳудий басшылары Оған ылақтырыў ушын, жерден және тас алды. Ийса олардан: — Мен сизлерге Әкем тапсырған көп жақсы ислерди көрсеттим. Олардың қайсы бири ушын, Мени тас пенен уражақсызлар? — деп сорады. Яҳудий басшылары Ийсаға жуўап берип: — Сени жақсы ислериң ушын емес, ал Қудайға тил тийгизгениң ушын, тас пенен уражақпыз. Сен адам бола тура, Өзиңди «Қудайман», — деп атырсаң, — деди» (Юхан 10:31–33). Ийсаның «Мен ҳәм Әкем бирмиз» деген сөзлеринен шыққан тәсирдиң күшине тек таң қалыўға болады. Егер грекше Хош Хабарды алсақ, онда бир қызықлы гүзетиў пайда болады. Изертлеўши А. Г. Робертсон грекше «бирмиз» сөзи тек физикалық бирликти ямаса мақсеттиң бирлигин емес, ал жалғыз барлықты ямаса ағысты аңлатады. Ол: «Масихтың Әке ҳәм Оның Өзи (Улдың) арасындағы байланыс ҳаққында тастыйықлаўы — бул қысқа гәпте жоқары орынға жетеди. Соның ушын ол парисейлерде усындай қәҳәрли ғәзепти келтиреди». Бул сөзлерди еситкен адамларда Ийсаның Өзин Қудай деп есаплайтуғынына гүман пайда болмайтуғыны түсиникли. Мельбурндағы Ридли атындағы колледждиң деканы Леон Моррис: «Яҳудий басшылары Ийсаның сөзлеринде тек Қудайға тил тийгизиўди көрди ҳәм олар ҳүким етиўге киристи. Нызам бойынша Қудайға тил тийгизген адамды тас пенен урыў керек еди (Левит 24:16). Бирақ олар бул истиң нызам тәртибинде көрип шығылыўын қәлемеди. Олар сол тийкарда басшылардың сәйкес келетуғын жазаны бере алатуғындай айыплаўларды таярламақшы емес еди. Ғәзеп отында олар өзлерине ҳүким етиўши ҳәм жәлладтың орнын берди». Ийсаны «Қудайға тил тийгизгени» ушын тас пенен урыў қәўпи бар еди. Яҳудийлер оның нени нәзерде тутқанын сөзсиз түсинди. Ол олар аз-маз ўақытқа болса да Оның ҳақыйқатты айтыўы мүмкинлиги туўралы ойланып көрди ме? Ийса Өзиниң келип шығыўы ҳәм барлығының Қудай менен бир екенин бәрҳа айтатуғын еди. Ол қорқпастан: «…Егер Мени билгениңизде, Әкемди де билер едиңлер» (Юхан 8:19), — деп айтатуғын еди. «Және де, Мени көрген адам Мени жиберген Қудайды көрген болады» (Юхан 12:45); «Мени жек көрген адам Мениң Әкемди де жек көрген болады» (Юхан 15:23); «Солай етип, ҳәмме адам Әкени ҳүрмет еткени сыяқлы, Улды да ҳүрмет етсин. Улды ҳүрмет етпеген Оны жиберген Әкени де ҳүрмет етпеген болады» (Юхан 5:23) ҳ.т.б. Усы цитаталардың ҳәммеси Ийсаның Өзин әпиўайы адам емес, ал Қудай менен теңмен деп есаплағанын толық дәлиллейди. Ийсаны басқаларға қарағанда Қудайға жақынырақ деп есаплаўшы адамлар жоқарыда келтирилген Оның сөзлерин жетерли терең ойламаған (Юхан 5:23). Бир күни маған Батыс Виржиния университетиниң әдебият бөлиминде лекция оқыўыма туўра келди. Лекция ўақтында қатнасып атырған профессорлардың бири мениң сөзимди бөлди: — Басқа үш Хош Хабардан кейин жазылған тек Юхан жазған Хош Хабарда Ийса Өзин — Қудай деп айтады. Ең бастағы Марк жазған Хош Хабарда Ийсаның Өзин Қудай деп есаплайтуғыны туўралы бир мәрте де айтылмайды. Бул адамның Марк жазған Хош Хабарды ҳеш ўақытта оқымағаны, ал егер оқыған болса да жүдә итибарсыз оқығаны маған бирден түсиникли болды. Жуўабына мен Марк жазған Хош Хабардағы Ийсаның гүналарды кеширетуғын жерин аштым. «Ийса олардың исенимин көрип, ләң адамға: — Балам, гүналарың кеширилди! — деди» (Марк 2:5, сондай-ақ Лука 7:48–50-ды көриң). Яҳудий нызамы бойынша буны тек Қудай ислей алатуғын еди. Ийшая (43:25) тек жалғыз Қудай гүналарды кешире алады деп айтты. Диний муғаллимлердиң бул гәпке қарсы шығыўлары қурыдан-қуры емес: «Ол неге Қудайға тил тийгизип тур? Гүналарды жылғыз Қудайдан басқа ким кешире алады?» — деп ойлады. Ийса олардың не ойлағанын дәрриў билип: — Ишлериңизден неге бундай нәрселерди ойлап турсызлар? Ләң адамға нени айтыў аңсатырақ: «Гүналарың кеширилди», — деў ме ямаса «Орныңнан турып, төсегиңди алып жүр», — деў ме?» (Марк 2:7–9). Уиклиффтиң анықламаларын көрейик: «Бул сораўға жуўап бериў мүмкин емес. Бул сөзлерди бирдей айтыў қыйын емес, бирақ екеўинде ис жүзинде ислеўге тек Қудайдың күши жетеди. Әшкара болыўдан қорқатуғын жынаятшы, әлбетте, биринши гәпти мақул көрген болар еди. Ийса аўырыўдың биринши себебин жеңиўге жол беретуғын әжайып бийликке ийе екенин ҳәмме көриўи ушын аўырыўларды шыпалады». Бул сөзлер ушын оны Қудайға тил тийгизиўде айыплады. Льюис Сперри Чейфер бул мәселе бойынша төмендеги сөзлерди жазады: «Дүньядағы ҳеш бир жаратылыста гүналарды кешириўге я бийлиги, я ҳуқықы жоқ. Бизлердиң ҳәммемиз қарсы гүна ислеген Сол Жалғыз Қудайдан басқа ҳеш ким бизлердиң гүналарымызды кешире алмайды. Масих гүналарды кеширген ўақтында — буған бизлерде гүман жоқ — Ол инсаныйлық мүмкиншиликлердиң шегинен жүдә узаққа кетти. Қудайдан басқа ҳеш ким гүнаны кешире алмайды ҳәм Масих гүнаны кеширген екен, демек, Оның Қудай болғанына гүман қалмайды». Гүнаны кешириў пикири маған узақ ўақыт тынышлық бермеди: мен оны ҳеш түсине алмадым. Бир күни Ийсаның қудайлық болмысы ҳаққында философия факультетинде лекция оқыдым ҳәм Марк жазған Хош Хабардан мысаллар келтирдим. Бир студент Масих берген кеширим Оның қудайлық болмысын улыўма дәлиллемейтуғынын айтып, маған қарсы болды. Ийса бул адамға кеширетуғынын әпиўайы айтты, бирақ бул Оның Өзин Қудай деп жәриялайтуғынын улыўма дәлиллемейди. Мен бул студенттиң сөзлериниң үстинде көп ойландым ҳәм тосаттан мениң көзим ашылды: мен диний муғаллимлердиң не ушын ашыўланғанын түсиндим! Әлбетте, қәлеген адам маған: «Мен сени кеширемен», — деп айта алады. Бирақ буны тек мен оған қарсы гүна ислеген адам ғана айта алады! Ҳәм керисинше, егер кимдур маған қарсы гүна ислесе, мен оған: «Мен сени кеширемен», — деп айта аламан. Бирақ Масих басқа жағдайда болған еди: ләң адам Қудай Әкеге қарсы гүна ислеген еди ҳәм Ийса оған: «Гүналарың кеширилди», — деп айтты. Аўа, егер бизлерди қапа қылса, бизлер сол адамды кешире аламыз, бирақ Қудайға қарсы гүнаны тек Қудай Ийемиз кешире алады. Буны Ийса иследи. Назаретли қандай да ағаш устасының бундай сөзди айтыўға өзине жол қойған ўақтында диний басшылардың ашыўланғаны таң қаларлы емес. Ийсаға берилген гүналарды кешириў бийлиги — бул Оның тек жалғыз Қудайға тән болған сыпаттың шығыўының анық мысалы. Марк жазған Хош Хабарда Ийсаның ҳүким етилиўи сүўретленеди (14:60–64). Сол жерде Ийсаның Өзиниң Қудайлық болмысы туўралы айтқаны анық жазылған. «Сонда бас руўханий ортаға шығып, Ийсадан: — Олар Саған қарсы гуўалық берип атыр-ғо. Сен неге ҳеш жуўап бермейсең? — деп сорады. Бирақ Ийса үндемеди ҳәм ҳеш жуўап қайтармады. Бас руўханий Оннан және: — Алғыслының Улы — Масих Сенбисең? — деп сорады. Ийса: — Аўа, Мен. Сизлер Адам Улының Қүдиретли Қудайдың оң жағында отырғанын ҳәм аспандағы бултларда киятырғанын көресизлер, — деди. Сонда бас руўханий өз кийимлерин жыртып: — Енди бизлерге гуўалардың неге кереги бар? Қудайға тил тийгизгенин еситтиңлер-ғо. Сизлердиң қарарыңыз қандай? — деди. Олардың ҳәммеси Ийсаны өлим жазасына ҳүким етиўге қарар етти». Ийса алдын жуўап бериўди қәлемеди ҳәм бас руўханий Оны ант бериўге алып келди. Ант бериў астында Ийса жуўап бериўге мәжбүр еди (ҳәм мен, ақыр-ақыбет Оның жуўап бергенине жүдә қуўанышлыман). «Алғыслының Улы — Масих Сенбисең?» — деген сораўға Ол «аўа», — деп жуўап берди. Демек, Масих судта қандай көрсетпе берди? Бириншиден, Ол Өзин Алғыслының Улы, яғный Қудайдың Улы; екиншиден, Қүдиретли Қудайдың оң жағында отырған ҳәм үшиншиден аспандағы бултларда киятырған Адам Улы деп атады. Бул сөзлер Оны Мессия сыпатында бирдей сүўретлейди. Оларды жыйнағында көрип шығыў жүдә әҳмийетли. Синедрион (яҳудийлердиң жоқарғы кеңеси) Ийсаның сөзлерин жақсы түсинди. Дәл соның ушын бас руўханийлер өзлериниң кийимлерин жыртты ҳәм: «Енди бизлерге гуўалардың неге кереги бар?» — деп айтты. Ийсаны Өзи айтқан сөзлери ушын ҳүким етти. Роберт Андерсон: «Ең исенимли дәлиллер — бул ашыўланған гуўалардың көрсетпеси. Ийсаның душпанларының ҳәрекети Ийсаның Өзин Қудай деп атағанын сөзсиз тастыйықлайды. Гәп болып атырған дәўирде руўханийлер әййемги адамлар да ақылсыз болмағанын умытпаў керек: бул жоқары мәдениятқа ийе болған терең диншил халық еди. Өйткени дәл усы сөзлер ушын Синедрион, соның менен бир қатарда Гамалиил ҳәм оның тарслы уллы шәкирти Саул да — оны «бир сөз бенен өлим жазасына ҳүким қылды». Ийсаның бул көрсетпелерди Өз ерки бойынша бергенине гүман жоқ. Ийсаның бул сөзлерин яҳудийлердиң Оның Қудай екениниң тастыйықлаўы сыпатында түсингени түсиникли. Олардың алдында таңлаў бар еди: Оның сөзлерин я Қудайға тил тийгизиў деп қабыллаў я Оның — Қудай екенине исениў. Жоқарғы кеңес адамлары буны жақсы түсинди — сонлықтан олар оны атанақ ағашқа шегеледи, ал кейин: «Ол Қудайға арқа сүйеп тур. Егер Қудай қәлесе, ҳәзир Оны қутқарсын. Себеби Ол: «Мен Қудайдың Улыман» (Матта 27:43), — деп айтқаны ушын Оның үстинен күлди. Ески Келисимниң атақлы қәнийгеси Г. Б. Суит бас руўханийлердиң өзлериниң кийимлерин не ушын жыртқанын түсиндиреди: «Нызам тартыстың майда бөлеклеринде бас руўханийлерге өзлериниң кийимлерин жыртыўды қадаған ететуғын еди (Левит 10:6, 21:10), бирақ өз ўазыйпасын орынлап атырып, бас руўханийлер дәстүр бойынша өзи гуўа болған қәлеген Қудайға тил тийгизиў себеби бойынша ғәзебин усылай көрсетиўи керек еди. Усындай шешиўши ўақытта ашыўланған бас руўханийдиң терең жеңиллениў сезгенин айтып өтпеўге болмайды. Ол енди исенимли гуўалардың табылыў ямаса табылмаўына тәшиўишленбейди: олардың зәрүрлиги жоқ болды, өйткени тутқын өз айыбын өзи мойынлады». Бизлер буның әпиўайы суд болмағанын әлле қашан түсиндик. Юрист Эрвин Линтон былай деп жазды: «Бул жүдә айрықша жағдай, себеби судта айыпланыўшының қылмысы емес, ал оның жеккелиги көрип шығылды. Масихқа қарсы қойылған айыплаў — бул Оның судтың алдындағы тән алыўы, (ямаса, анығырағы, көрсетпеси, ямаса, және де анығырақ — ислеген иси), усының тийкарында Ол айыплы деп тән алынды, Пилаттың алдында сораўға тутылды, атанақ ағашының үстине жазылды ҳәм атанақ ағашқа шегелеў ўақтында қасынан өткенлер қаралады — буның ҳәммеси тек бир сораўға келип тақалады: Ол Ким өзи? «Сизлер Масих ҳаққында не ойлайсызлар? Ол Кимниң Улы?» Нью-Йорк қаласынан атақлы юрист, судья Гейнор Синедрион Ийсаны тек Қудайға тил тийгизгенинде айыплады деп айтады. Ол: «Төрт Хош Хабардан қәлегенимизди оқығанымызда Ийсаны ҳүким еткен айыплаўдың Қудайға тил тийгизиўден ибарат екени түсиникли болады: «…Ол тәбияттан тыс бийликке ийемен дегендей нәрсени айтты, ал адамның аўзынан бундай сөздиң шығыўы Қудайға тил тийгизиў еди» (Юхан 10:33-қа қараң), — деп жазады. Гейнор «Өзиң адам бола тура, Өзиңди Қудай деп атайсаң», — деген сөзлерди нәзерде тутады. Әдетте адамды қылмысы ушын ҳүким етеди. Ийса менен болған жағдай басқаша болды: Оны жеккелиги ушын ҳүким етти. Ийсаның өзиниң қудайлық болмысын Өзи мойынлағанын тән алыў ушын судтағы бир көринис те жетерли. Оны ҳүким етиўшилер Оның усы мойынлаўының гуўасы болды. Буннан тысқары, Оны атанақ ағашқа шегелеген күни Ийсаның душпанлары Оның Өзин адам пишининдеги Қудайман деп айтқанын есине түсирди. «Бас руўханийлер, диний муғаллимлер ҳәм ақсақаллар да Оның үстинен күлип былай деди: — Бул басқаларды қутқарып, Өзин Өзи қутқара алмайды. Егер Ол Израилдың Патшасы болса, ҳәзир атанақ ағаштан түссин. Сонда бизлер Оған исенермиз. Ол Қудайға арқа сүйеп тур. Егер Қудай қәлесе, ҳәзир Оны қутқарсын. Себеби Ол: «Мен Қудайдың Улыман», — деген еди-ғо» (Матта 27:41–43). 2-бап. Қудай өтирикши ме ямаса делбе ме? Демек, Ийса Қудайман деп айтты. Оның сөзлери — Ийса күшли минезли адам ямаса, айтайық, көплеген терең пикирлерди айтқан пайғамбар болды деп айтатуғын, ҳеш нәрсеге исенбейтуғынлардың тастыйықлаўларын жақсы жоққа шығарады. Айырым ўақытлары бул пикир илимий көзқарасқа туўра келетуғын жалғыз шешим болып ямаса Хош Хабарды ақыл менен изертлеўдиң анық нәтийжеси болып көринеди. Ашынарлысы бул пикирге көпшиликтиң келисетуғынында ҳәм оның тәрепдарларының себеплериниң қаншелли қәте екенин көрмейтуғынында болып табылады. Ийсаның Өзи ушын Оны адамлар Ким деп санайтуғыны жүдә әҳмийетли еди. Ийсаның не жәриялағанын ҳәм Өзи туўралы не айтқанын есиңизге түсириң! Оның сөзлеринен, Ол бары-жоғы тек үрип-әдетли адам ямаса пайғамбар болған деген жуўмақ ислеўге бола ма? Яқ, және бир мәрте яқ. Ийса адамлардың Өзи туўралы усындай ойлаўын қәлемеди. Алдын агностик болған Кембридж университетиниң профессоры К. С. Льюис бул мәселени жақсы билетуғын еди. Мине оның сөзлери: Мен Ийса туўралы: «Мен Ийсаны өмирдиң уллы устазы сыпатында қабыл етиўге таярман, бирақ Оның Қудай болғанына исенбеймен», — деп айтқанын еситиўиме жийи туўра келетуғын болмаған сөзлер менен шығып сөйлейтуғын ҳәр бир адамның жолын кесиўди қәлеймен. Дәл усы сөзлерди айтыўдың кереги жоқ. Өйткени әпиўайы адам бола тура Ийсаның айтқан сөзлериниң ҳәммесин айтатуғын қәлеген адамды өмирдиң уллы устазы деп улыўма атаўға болмайды. Ол я ақылдан адасқан, я дозақтың ҳақыйқый перзенти болған болар еди. Таңлаўдан ҳеш қаяққа қутыла алмайсаң: ямаса бул адам Қудайдың Улының өзи ямаса Ол ақылдан азған адам». Соңынан ол: «Оның орны жиллихана болған Делбе деп есаплаўға, оны шайтан сыпатында орынсыз қорлаўға, Оның аяқларына жығылыўға ҳәм Оны Қудай Ийем деп ҳүрмет етиўге болады. Ең баслысы, Ол өмирдиң уллы устазы болғаны сыяқлы менменли сөзлер менен шықпайды. Ол бизлерге бул таңлаўды қалдырмады. Бул Оның нийетине кирмеген де еди», — деп айтты. Жигирма сегиз жылды Жаңа Келисим текстин критикалы үйрениўге бағышлаған Ф. Дж. А. Хорт былай деп жазады: «Оның сөзи Оның Өз бөлеги дәрежесинде болғанлықтан, егер оларды пайғамбар айтқан улыўмалық ҳақыйқат сыпатында көрип шықсақ, онда олар пүткил мәнистен айырылған. Ийсаның сөзинен Оның Өзин алып таслаўға ҳәрекет етип көриң: өйткени Ол бәрҳа биринши дәрежели, олар күлге айналады». Мине атақлы Йельский университетинде масихыйлық тарийхының устазы Кеннет Скотт Латуреттаның сөзлери: «Ийса тек ғана Өзиниң тәлими менен уллы емес, бирақ Оған тарийхтан орын бериўге усының өзи де жетерли болар еди. Ең баслысы — бул Оның тәлийматы ҳәм жеккелигиниң бирлиги. Бул тәлиймат ҳәм устаздың ажыралмайтуғын жағдайы». Ҳәм соңында: «Хош Хабарды ойланатуғын қәлеген оқырманға Ийса сөзлерим Өзимнен айырылмайды деп есаплағаны түсиникли болыўы керек. Ол уллы устаз еди, бирақ ол тек ғана уллы устаз болып қалған жоқ. Оның қудай Патшалығы ҳаққында, адамның ис-ҳәрекети ҳаққында ҳәм Қудай ҳаққындағы тәлийматы жүдә әҳмийетли еди, бирақ оларды Қудайдан ажыратып алыўға болмайды: ол бундай ажыратыў барлық мәнистен айырады деп есаплайтуғын еди». Ийса Өзин Қудай деп айтты. Ол бизлерге басқа ҳеш қандай вариант қалдырмады. Оның сөзлери я ҳақыйқат, я өтирик еди: солай екен, бизлер бул дилемманы шешиўге ҳәрекет етиўимиз керек. Ийсаның шәкиртлерине берген сораўына («Ал сизлер Мени ким деп санайсызлар?» Матта 16:15) түрлише жуўап бериўге болады. Алдын Оның (Мен — Қудайман деп айтқаны) тастыйықлаўы өтирик деп айтайық. Егер ол өтирик болса, онда еки вариант бар. Я Ол оның өтирик екенин билди, я билмеди. Бизлер усы еки вариантты көрип шығамыз, усының менен барлық тийкарларды салыстырамыз. Биринши версия: ѳтирикши Егер Ийса Өзи тастыйықлаған бир ўақытта Өзиниң Қудай емеслигин билгенинде, онда Ол өтирик сөйлеген ҳәм билип турып Өзиниң шәкиртлерин алжасыўға алып барған болады. Бирақ, егер Ол өтирикши болса, онда Ол буған қосымша еки жүзли: өйткени Ол барлық адамларға қандай жағдай болса да бәрҳа ҳақыйқатшыл болыўды буйырды. Онда Оның пүткил тәлийматы, Оның пүткил өмири өтирик болып шығады. Буннан да басқа: сол ўақытта Ол шайтан еди, өйткени адамларға жанларын Өзине исениўин буйырды. Егер ҳақыйқатында Ол бул исенимди ақлай алмайтуғын ҳәм буны билмейтуғын болса, онда Ол жаўызлықтың ҳақыйқый перзенти болған. Ҳәм, ақыр-ақыбет, Ол соның менен бирге ақмақ еди: өйткени Оны дәл қудайлық болмысқа қарсылығы ушын атанақ ағашқа шегеледи. Көбинесе Ийсаны — өмирдиң уллы устазы деп айтады. Келиң дурыс ойланып пикирлейик. Өзиниң тәлийматының баслы жағдайының биреўинде, яғный Өзиниң қудайлық болмысы туўралы шәкиртлерин билип турып алдаған адамды қалай уллы устаз деп атаўға болады? Жалғыз туўры ойланылған жуўмақ келип шығады: Ол өтирик сөйледи ҳәм билип турып өтирик сөйледи. Бирақ Ийсаға деген бундай көзқарас бизлердиң Ол туўралы көзқарасымызға ҳеш туўры келмейди: Ол Оның өмири ҳәм Оның тәлийматының адамзатқа тәсири ҳаққында билгенимиз бенен туўры келмейди. Өйткени Ийсаның сөзи жәрияланған барлық жерде адамлар ҳәм пүткил халықлар жақсы тәрепке өзгерген еди, урылар ҳақ болатуғын, мәскүнемлер ишиўди таслайтуғын, ғәзепке толған адамлар мийримли болатуғын, әдилсизлер әдил болатуғын еди. Өзиниң шөлкемлескен масихыйлықты қабыл етпеўи менен белгили болған англичан тарийхшысы Уильям Лекки былай деп жазады: «Масихыйлықта он сегиз жыл даўамында дүньяны руўхый сүйиспеншиликке толтырып адамлардың жүреклерин нурландырған, өзинде адамгершиликтиң үлкен үлгисин көрсеткен пүткил дәўир, халықлар, жеделликке ҳәм жағдайларға тәсирин тийгизе алған, бирақ изине ериўге күшли үлги болған айрықша қаҳарманды көрсетиў керек. Оның белсенди өмириниң қысқа үш жылының әпиўайы сүўретлениўи философлардың табылмалары ҳәм үгит-нәсият бериўшилердиң ғарғысларына қарағанда адамзаттың ояныўы ҳәм жүреклериниң жибиўи ушын көбирек нәрсе иследи». Тарийхшы Филипп Шафф былай деп айтады: «Егер Ийсаның судтағы жуўаплары ҳақыйқат емес болса, онда олар тек Қудайға тил тийгизиў ямаса ақмақлық бола алады. Бирақ биринши шамалаў бирден түседи — Ийсаның қәлеген сөзинде, қәлеген ҳәрекетинде көринген ҳәм пүткил адамзат тән алған мораллық тазалығы ҳәм адамгершилиги ҳаққында еске алыў жетерли. Ақылдың түсиникли ҳәм күшли барлық қатнасларында усындай әҳмийетли сораўда өзин-өзи алдаў да шығарып тасланады. Әпиўайы фанатик ямаса Делбе қалай бәрҳа анық пикирди сақлап, бултлардың үстинен қуяш сыяқлы тербелмей барлық аўырманлық ҳәм қуўдалаўлардан өтеди, ҳәр сапары ҳийлели сораўларға ең дана жуўапларды берип, Өзиниң атанақ ағаштағы өлимин, Мухаддес Руўхтың түсиўин, Жәмәәттиң дүзилиўин, Ерусалимниң қулаўын саналы болжайды — өйткени усы барлық пайғамбаршылықлар анық орынланды-ғо! Сондай айрықша, сондай мақсетли, таза избе-изликли, сондай минсиз, адамгершиликли, ҳәм соның менен бир ўақытта қәлеген инсаныйлық уллылықтың үстинде өзгермей туратуғын адам я жалатай, я адамның ойлап тапқанының жемиси болыў мүмкин емес. Көп жыл алдын биреў тәрепинен айтылған нәрсе әжайып болған болар еди, бундай жағдайда шайыр өз қаҳарманына қарағанда уллырақ болар еди. Басқа сөз бенен айтқанда, Ийсаны ойлап табыў ушын Ийсаға қарағанда уллырақ адам болыў керек». Соңынан Шафф Масихты өтирикши деп есаплаўға қарсы исенимли дәлилди келтиреди: «Егер туўры, саналы мәнис ҳәм жеке тәжирийбени жәрдемге шақырып, ойлап көрсек: өзине ат қойған, яғный, адамгершиликсиз өтирикши ҳәм өзин ойлайтуғын адам өзин бастан аяғына шекем ең таза ҳәм адамгершиликли тарийхта белгили, ең ҳақыйқый түрдеги адам сыпатында қалай көрсетеди? Жоқары адамгершиликли уллылықта белгиленген және нийетлер менен көтерилген ҳәм ол ушын өз халқы ҳәм өз дәўириниң жаўыз ески үрип-әдетине қарамастан, жеке өмирин қурбан ететуғындай өзиниң ийгиликли жобасын қалай ойланып ҳәм орынлай алды?» Егер Ийса адамлар изине ериўин ҳәм Оның Қудай екенине исениўин қәлегенинде, не ушын Ол дәл Израилды таңлады? Не ушын Назаретли уста көринисинде Ол турғынлары жалғыз ҳәм бөлинбейтуғын Қудайға исениминде беккем болған кишкене елдеги адамларға барды? Не ушын Ол адамлары көп қудайларға исенетуғын ҳәм олардың ҳәр түрли сәўлелениўине жол берген Мысыр ямаса Грецияға бармады? Ийсаның өмири менен жасаған, Оның сөзлерин сөйлеген ҳәм Оның өлими менен қайтыс болған адам өтирикши бола алмайды. Бизлерде және қандай вариантлар қалады? Екинши версия: делбе Демек, Ийсаның өтирикши болғанын көз алдымызға келтириў мүмкин емес. Егер ол Өзиниң Қудай екенине ҳақыйқаттан исенген, бирақ қәтелескен болса ше? Өйткени ең ҳақ нийетли адамлар да қәтелеседи! Жалғыз бир Қудайға қатаң исениўде қурылған мәденияттың ишинде жасайтуғын адам күтилмегенде дөгеректеги барлық адамларға Өзиниң Қудай екенин, олардың мәңгиликтеги өмири Оған Қудай сыпатында исениў, исенбеўине байланыслы екенин айтқанын көз алдыңызға келтириң. Бул әпиўайы елес емес, ал гәптиң толық мәнисинде ақылдан адасқан адамның сандырақлаўы. Ийса Масих усындай делбеге уқсай ма? Әййемде өзин Қудай деп жәриялаған адамды ҳәзирги ўақытта өзин Наполеон деп ойлайтуғын ақылдан адасқан адам менен салыстырыўға болады. Ол, әлбетте, алжасты, бирақ соның менен бирге өзиниң алжасыўына исенеди. Ол өзине ямаса басқа биреўге зыян келтирмеўи ушын оны жиллиханаға жибереди. Бирақ ақылдан адасыўшылық пенен бәрҳа бирге жүретуғын ҳеш қандай еси аўыў ҳәм тынышсызлық Ийсада жоқ. Егер Ол делбе болған деп шамаласақ, онда бәрҳа тыныш ҳәм адамгершиликке толы болған жүрис-турысын қалай түсиндириўге болады? Нойз ҳәм Колб өзлериниң медициналық темадағы мақаласында аўыр психикалық кеселди ҳақыйқатқа жүз бурғанға қарағанда, аутикалық адам сыпатында сүўретлейди. Аўыр психикалық кесел ҳақыйқый дүньядан кетиўди қәлейди. Онда өзин Қудай деп есаплаў — бул, сөзсиз, ҳақыйқаттан қашыў. Бирақ, егер бизлердиң Ийса туўралы билетуғынларымыздың ҳәммесин есимизге түсирсек, онда Ол психикалық аўырыў адам болды дегенге исениў қыйын. Адамзатқа белгили болған көплеген терең пикирлерди дәл Ол айтты. Оның тәлийматы адамларға руўхый бағыныўдан еркинлик алып келди. Кларк Х. Пиннок мынадай сораўды береди: «Бәлким, ол өзиниң уллылығында адасқан шығар, бәлким, ол параноик, аўыр психикалық кесел болып, билмей турып адамларды алдаған шығар? Яқ! Оның тәлийматының тереңлиги ҳәм әҳмийетлиги тек если ақыл ҳаққында айтады. Бизлердиң ҳәммемизде Онда бар болған усындай ақыл болғанда еди!» Бир таныс студент маған бир күни Колифорния университетинде профессор — психиатр лекцияда: «Көплеген аўырыўлар менен мен қолыма Мухаддес Китапты алып, оларға Масихтың сөзлерин оқып беремен — бул жақсы терапия», — деп айтқанын айтып берди. Психиатр Дж. Т. Фишер былай деп белгилейди: «Егер ең атақлы психолог ҳәм психиатрлардың психикалық тазалық сораўы бойынша барлық абыройлы мақалаларын қосып, оларды жақсылап қысқартып ҳәм сөзлик қабықтан тазаласақ, яғный, егер тек ғана ең негизин алсақ ҳәм егер дүньядағы ең талантлы шайыр илимий билиминиң ең таза туқымын қысқа етип жеткерип бере алса, онда нәтийжеде оның менен ҳеш қандай салыстырыўға тең бола алмайтуғын Таўдағы ўаздың тек қарапайым ҳәм толық емес қысқа баянлаўы ғана пайда болады. Еки мың жылдан берли масихый дүнья адамзаттың тынышсыз ҳәм жемиссиз сораўларына жуўап бар болған текстти қолында услап киятыр. Бул… — оптимизм, психикалық саламатлық ҳәм қанаатланыўшылыққа толы, адамның жемисли өмириниң жобасы». К. С. Льюис былай деп жазады: «Тарийх ушын масихыйлықтың өзи беретуғын Масихтың өмири, тәлийматы ҳәм тәсириниң жақсырақ түсинигин табыў қатты қыйын. Ҳеш ким терең ҳәм саналы мәнистиң арасындағы қарама-қарсылыққа қанаатландырыўшы түсиник бере алмады… Оның адамгершиликли тәлими ҳәм теологиялық тәлими келтирип шығарған сүўретлеп болмайтуғын уллылығы — егер тек Ол ҳақыйқаттан Қудай болмаған болса». Үшинши версия: Қудай Жеке мен Ийсаның өтирикши ямаса делбе болғанына исене алмайман. Онда тек бир вариант қалады: Ол Өзи айтқанындай Масих, Қудайдың Улы болды. Мен бул темада көбинесе яҳудий исениминдеги адамлар менен сөйлесемен. Олардың тәсирин гүзетиў бәрҳа жүдә қызық. Әдетте олар Ийса әдеп-икрамлы, әдил адам, диний ойшыл ямаса пайғамбар деп айтады. Сол ўақытта мен Ийсаның Өзи туўралы не айтқанын айтып беремен ҳәм олардың алдына бизлер усы бапта айтып өткен (өтирикши, Делбе ямаса Қудай?) таңлаўды қояман. Олардан Ийсаны өтирикши деп есаплайтуғын ямаса есапламайтуғынын сорайман. Жуўабында бирден «Яқ!» деген сөз айтылады. Мен келеси сораўды беремен: — Бәлким, Ол делбе болған шығар? Жуўабы әдетте мынадай болады: — Әлбетте яқ! — Сиз Оның Қудай болғанына исенесиз бе? — бирақ мен бул гәпти айтып болыўға үлгермесимнен, мынаны еситемен: — Яқ! Бирақ басқа таңлаў жоқ!.. Машқаланың негизи усы вариантлардың қайсысы бизлерге мүмкиндей көринетуғынында: олардың қәлегени мүмкин екени түсиникли. Сораў қайсы вариант туўры келетуғынында? Сизлердиң Ийса Масих Ким болды деген сораўға жуўабыңыз сиз ушын ақыл шынығыўы бола алмайды. Оны уллы ойшыл ҳәм өмирдиң устазы деп атаўға болмайды. Бул вариант туўры келмейди. Үшеўинен биреўи: өтирикши, Делбе ямаса Қудай. Сизлер таңлаў ислеўиңиз керек. «Бирақ булар сизлердиң Ийсаның Масих, Қудайдың Улы екенине исениўиңиз ушын ҳәм исенип, Оның аты менен өмирге ийе болыўыңыз ушын жазылды» (Юхан 20:31). Бизлерде болған барлық дәлиллер Ийса — бул Ийемиз Қудай екени туўралы айтады. Көпшилик адамлар бул дәлиллерден бас тартады, өйткени руўхый ақыбетлерди қабыл етиўди қәлемейди: олар егер Оны Қудай деп тән алса, ийнине түсетуғын жуўапкершиликтен қорқады. 3-бап. Ал илим ҳаққында не? Өзиниң Масихқа исенбеўин көплеген адамлар мынадай тастыйықлаў менен ақлаўға ҳәрекет етеди: «Илимий түрде дәлиллеўге болмайтуғын ҳәмме нәрсе — я натуўры, я итибарға ылайықлы емес». Егер Масихтың қудайлық болмысын ҳәм Оның қайта тирилиўин илимий тастыйықлаўға болмайтуғын болса, онда жигирмаланшы әсирдиң адамлары Масихты Қутқарыўшы сыпатында қабыл етиўге ямаса Оның қайта тирилгенине исениў ушын ҳәдден тыс билимли болғаны. Философия ҳәм тарийх сабақларында маған көбинесе шақырық болып еситилетуғын сораўды жийи береди: — Ал сиз буны илимий дәлиллей аласыз ба? Әдетте мен былай деп жуўап беремен: — Тәбийғый илимниң усыллары менен бе? Яқ. Мен физик я химикпен бе? Сол ўақытта класста күлкилер ямаса мына сөзлер еситиледи: — Енди бул туўралы айтатуғын не бар? — Сизлер нени қәлейсиз? Бизлер ҳәммесин исеним деп қабыл етемиз бе?.. (Әлбетте, соқыр исеним нәзерде тутылады). Жақында самолетте, Бостон жолында бизлер қасымда отырған адам менен сөйлесип қалдық. Мен оған, не ушын Масих Өзин Ким деп көрсеткен болса, соған исенетуғынымды түсиндирдим. Бул ўақытта салонға пилот шықты. Ол бизлердиң сәўбетимизди еситкен көринеди. — Мен сизиң орныңызда болыўды қәлемеген болар едим! — деди ол маған. — Неге? — деп мен қызықтым. — Сиз буны илимде дәлиллей алмайсыз-ғо!.. Мен заманагөй адамның пикирлеўиниң қаншелли пәс түскенине таң қаламан! Жигирмаланшы әсирдиң адамлары илимде дәлиллеўге болмайтуғын ҳәмме нәрсе — натуўры деп ойлайды. Бирақ дәл усының өзи натуўры-ғо! Ҳәм улыўма: гәп тарийхый жеккелик ямаса ўақыя туўралы болып атырғанда не болса да дәлиллеў аңсат емес. Ең алды менен тәбийғый-илимий дәлил ҳәм бизлер тарийхый-юридикалық деп атайтуғын дәлилдиң арасындағы айырмашылықты анықлаўымыз керек. Бул айырмашылықты түсиндириўге ҳәрекет етемен. Қандай да ҳақыйқатты илимде дәлиллеў дегенимиз не? Бул ушын усы ҳақыйқатты гүман астына қойып атырған адамның қатнасында керек болған ўақыяны көз алдына келтириўимиз керек. Бул көз алдына келтириў бәрҳа гүзетиўде болатуғын, бақлап, мағлыўматларды алыў ҳәм болжаўды тексериў мүмкиншилигин беретуғын белгили шараятта жүзеге асады. «Дәлилдиң илимий усыллары, олардың анықламасының барлық түрлеринде, көринис ҳәм қойылған тәжирийбеге ямаса қайта гүзетиўге алып келеди» («Британик» энциклопедиясы). Илимий доктор, атақлы Гарвард университетиниң ректоры Джеймс Конант былай деп жазды: «Илим изертлеў ҳәм бақлаўлардың нәтийжеси сыпатында пайда болған ҳәм келеси тәжирийбе ҳәм бақлаўға сүйениўге болатуғын көзқарас ҳәм ақылға салынған қурылмалардың өз-ара байланысқан шынжыры». Илимпазлар ана я мына тастыйықлаўлардың ҳақыйқый екенин қалай тексереди? Буның ушын басқарыўға болатуғын тәжирийбелер қойылады. Бунда заманагөй тәбийғый-илимий усыл тийкарланған. Мысалы ушын, кимдур: «„Айвори“ маркадағы сабын суўда шөгеди», — деп тастыйықлайды. Мен бул адамды асханаға алып барып, ләгенге жыллы суў толтырып ҳәм сабынның бөлегин суўға таслайман. Буль-буль! Гүзетилди, мағлыўматлар алынды ҳәм болжаў тексерилди: бундай шараятта бул сабын суўда шөкпейди. Бирақ мине қызығы неде. Егер тәбийғый-илимий усыл дәлилдиң жалғыз усылы болса, онда бүгин биринши сабақта болғаныңызды қалай дәлиллей алатуғын едиңиз? Ямаса, бүгин сиз нени жегениңизди? Себеби бул ўақыяларды бақлаў шараятында қайталаўға болмайды! Қалай ислеў керек? Мине бул жерде бизлер тарийхый-юридикалық усылды пайдаланыўға толық ҳуқыққа ийемиз. Бизлердиң жағдайымызда белгили факттиң барлығына гүманның тийкарсыз екенин көрсетиў жетерли. Басқа сөз бенен айтқанда, «ҳүким» салмақлы «дәлиллер» тийкарында шығарылады. Бул қабыл етилген шешим тийкарлы гүманды келтирмейтуғынын аңлатады. Ол гуўалық көрсетпелерден ғәрезли. Үш түрли көрсетпе ажыралады: аўызеки гуўалық, жазба гуўалық, затлық дәлил (мысалы ушын, пистолет, оқ ямаса дәптер). Өтмиште жүз берген ўақыяны изертлеўде юридикалық усылды қолланып, сиз бүгин азанда сабақта болғаныңызды исенимли дәлиллей аласыз: сизди досларыңыз көрди, дәптериңизде жазыўлар бар, устазларыңыз сизди еслейди. Тәбийғый-илимий усылды тек қайталанатуғын көринислердиң дәлийли ушын қолланыўға болады. Бирақ тарийхый жеккелик ямаса ўақыяға қатнаслы бир нәрсени дәлиллеў (ямаса жоққа шығарыў) керек болғанда тәбийғый-илимниң бул жерде қатнасы болмайды. Ҳәм төмендеги сораўларға жуўапты излейтуғын илимлердиң усылы туўра келмейди: «Вильям Шекспир бар болған ба?» «Мартин Лютер Кинг пухаралық ҳуқық ушын гүрести ме?» «Назаретли Ийса Ким еди?» «Иван Грозный өзиниң улын өлтирди ме?» «Ийса Масих өлимнен қайта тирилди ме?» Усы барлық сораўлар тәбийғый-илимий дәлиллер тараўынан тысқарыда. Оларды юридикалық дәлиллер тараўына киргизиўге туўра келеди. Басқа сөз бенен айтқанда бақлаў мағлыўматлардың жазбасы, болжаўды шығарыў тийкарында илимий усыл тәжирийбели тексериўде: «Сиз өлимнен қайта тирилиўди дәлиллей аласыз ба?» ямаса «Ийсаның — Қудайдың Улы екенин қалай дәлиллеўге болады?» — деген сораўға жуўмақлаўшы жуўапты бере алмайды. Адамлар тарийхый-юридикалық усылды қолланғанында, оларға гуўалықлардың исенимлилигин тексериўине туўра келеди. Мени масихыйлықта не нәрсе айрықша өзине тартатуғынын билесиз бе? Бул қандай да соқыр ҳәм ақмақлық исеним емес, ал саналы исеним болғаны ушын. Ҳәр сапары Мухаддес Китапта кимдур өзиниң исенимин көрсетиўи керек болғанда гәп саналы исеним туўралы болады. Ийса (Юхан 8:32): «Сизлер ҳақыйқатты билип аласызлар», — деп айтты. Ол: «Түсинбеўшиликте қаласыз», — деп айтпады. Бир күни Масихтан: «Нызамда ең уллы ўәсият қандай?» — деп сорады. Оның не деп жуўап бергени есиңизде ме? «Ийең болған Қудайыңды пүткил жүрегиң, пүткил жаның, пүткил күшиң ҳәм пүткил ақыл-ойың менен сүй». Көпшилик исениўшилерде машқала олардың исеними тек жүректе жасайтуғынында, ал Масих ҳаққында ҳақыйқатлар болса ҳәзирге шекем санамызға жетпейтуғынынан ибарат сыяқлы түйиледи. Бизлерге Ийемизди көриў ушын Мухаддес Руўхта жаңаланған ақыл; Оны сүйиў ушын — жүрек ҳәм Оны таңлаў ушын — ерк берилген. Қудайды алғыслаў ушын, Оны мүмкин болғанынша терең билиў ушын бизлер бир ўақыттың өзинде үш өлшемниң ҳәммесинде жасаўымыз керек. Сизлерде қандай екенин билмеймен, бирақ мениң жүрегим санам бас тартқан нәрсеге қуўана алмайды. Жүрегим ҳәм санам бир-бири менен бирлесип жасаў ушын жаратылған. Масихқа Қутқарыўшым ҳәм Ийем деп исениў ушын еле ҳеш кимнен өзин ақылый өлтириў талап етилмеген. Келеси бапларда бизлер Ийса туўралы жазба ҳәм аўызеки гуўалықлардың қаншелли ҳақыйқат екенин көрип шығамыз. 4-бап. Мухаддес Китап: оған сүйениўге бола ма? Жаңа Келисим — бул Ийса ҳаққында тарийхый мағлыўматтың тийкарғы булағы. Соның ушын XIX ҳәм XX әсирлерде мухаддес китаплық ҳүжжетлердиң исенимлилигин гүман астына қойыўға көплеген ҳәрекетлер исленди. Бул ағыс ҳәзирге шекем таўсылмайды, бирақ исенимли емес деген айыплаў ҳеш қандай тарийхый тийкарға ийе емес, ал олардың көпшилиги қазылма бақлаўлар ҳәм ашылыслардан әлле қашан бас тартқан. Бир күни мен Аризона университетинде лекция оқыдым. Лекция-тартыстан кейин далада қасыма әдебият пәни муғаллими келди, бул тартысқа ол барлық студунтлерин алып келди. Ол маған мыналарды айтты: — Ҳүрметли профессор Мак-Дауэлл сизиң Масих туўралы барлық тастыйықлаўларыңыз екинши әсирдиң жалғыз бир ҳүжжетине тийкарланған. Бул тарийхый емес. Бүгин мен студунтлерге Жаңа Келисим Масихтың өмириниң анық сүўретлемесин бере алмайды, өйткени ол кейинирек жазылған деп түсиндирген едим. Ал мен оған былай деп жуўап бердим: — Ҳүрметли кәсиплесим, сизиң Жаңа Келисим ҳаққындағы көзқарасыңыз 25 жылға гөнерген. Профессордың Масих ҳаққында мухаддес китаплық жазбаларға көзқарасы Мухаддес Китапты критикалаўшы немец Ф. Баурдан алынған. Баур Жаңа Келисимниң көпшилик бөлеги бизиң эрамыздың екинши әсиринен алдын жазылмаған деп есаплайтуғын еди. Ол Жаңа Келисимде ең алды менен Ийсаның өмирин қағаздағы жазыўлардан узақластыратуғын, узақ ўақытқа киргизилген қыял ҳәм әпсананың жыйнағы сыяқлы көрип шықты. Бирақ XX әсирдиң басында археологлардың табылмалары Жаңа Келисимниң қол жазбаларының анық екенин тастыйықлады. Ески папирусларды жаңадан ашыў (Джон Риландтың қол жазбалары, бизиң эрамыздың 130-жылы, Честер Виттидиң папирусы, бизиң эрамыздың 155-жылы ҳәм Бодмер папирусы II, бизиң эрамыздың 200-жылы) Масихтың өмириниң дәўирин ҳәм әлле қашан белгили болған кеш дәўирдеги қол жазбаларды байланыстырыўшы белги болды. Миллар Барроуз (Йельский университети) былай деп жазды: «Жаңа Келисимниң грек тилинде жазылғанын папируслардың жаңа ашылған тили менен салыстырыў Жаңа Келисимниң бизлерге шекем бурмаланбай жетип келгенине исенимди беккемледи. Бундай түрдеги ашылыслар илимпазлардың Мухаддес Китапқа яғный оның мағлыўматлар булағы екенине исенимин күшейтти. Аты белгили уллы археолог Уильям Олбрайт былай деп жазады: «Ҳәзирдиң өзинде бизлер толық исеним менен төмендегилерди тастыйықлай аламыз: Жаңа Келисимниң қандай да китабы б. э. 80-жылларынан кейин жазылған деп есаплаўға ҳеш қандай тийкарлар жоқ — яғный б. э. 130–150-жылларына сәнеленген толық еки әўладтан алдын, ҳәзирги күнде Мухаддес Китапты критикалаўшылар тәрепинен қабыл етилиўи». Ол және бир мәрте бул исенимди «Масихыйлық бүгинги күнде» атлы журналға берген интервьюинде айтты («Крисчианити Тудей»): «Мен Жаңа Келисимниң барлық китаплары б. э. 1-әсириниң 40–80-жылларында шомылдырылған яҳудийлер тәрепинен жазылған деп ойлайман (50 ҳәм 77-жыллардың аралығында болыўы мүмкин)». Қәлеген археологтан: «Қашанлардур жасағанлардан ким үлкен археолог болып есапланады?» — деп сорап көриң. Сизге Уильям Рамсидиң атын айтады. Ол Елшилердиң ислери китабындағы текстте айтылғанындай I әсирде емес, ал б.э. II әсирдиң ортасында жазылды деп есаплаған немец тарийхый мектебине тийисли еди. Критиклердиң Елшилердиң ислери китабы оқып шығыўы ондағы берилген дәўирдиң (б. э. 50-ж) ҳақыйқатын сүўретлеў исенимге ылайықлы емеслигине, сонлықтан тарийхшының итибарына ылайықлы емеслигине оны исендирди. Соның ушын өзиниң Киши Азия тарийхы бойынша изертлеўлеринде ол Жаңа Келисимге ҳеш қандай итибар қаратпады. Бирақ, ақыр-ақыбет, жумыс барысында оған Луканың жазбаларын көрип шығыўға туўра келеди. Ол тарийхый бөлеклердиң анық екенин белгиледи ҳәм оның Елшилердиң ислери китабына қатнасы әсте-ақырын өзгерди. Ол: «Лука — биринши дәрежели тарийхшы… Бул автор уллы тарийхшылар менен бир қатарда турыўы керек», — деп тән алыўға мәжбүр болды. Майда-шүйде бөлеклердиң анықлығы Рамсиди Елшилердиң ислери китабының II әсирде жазылыўы мүмкин емеслигине, бул — I әсирдиң ортасындағы ҳүжжет екенине исендирди. Ҳәзирги ўақытта көплеген либерал изертлеўшилер Жаңа Келисимниң ертеде сәнелениўи менен келисиўге мәжбүр. Доктор Джон Робинсон өзиниң «Жаңа Келисимниң таза сәнеси» атлы китабында жүдә күшли шешимлерге келди. Өзиниң изертлеўлери барысында ол пүткил Жаңа Келисим Ерусалим қуламастан алдын (б. э. 70-ж) жазылған деген жуўмаққа келди. Ҳәзирги күнде «рәсмий критикашы» деп аталатуғын адамлар Жаңа Келисимди қурайтуғын мағлыўматлар Хош Хабар түринде жазыламан дегенше аўызеки өткен деп тастыйықлайды. Бул критиклер ўақыт үзилиси алдын есаплағанына қарағанда айтарлықтай аз болғанын мойынласа да, олар, ўақыяларды хош хабарлық сүўретлеў фольклорлық түр (аңызлар, ертеклер, қыяллар, нақыл-мақаллар) алғанына исенимли. Фольклорлық раўажланыў пикирине қарсы әҳмийетли қурал мағлыўматты аўызеки өткериў дәўири (критиклердиң оны белгилегениндей) критиклер айтып атырған мағлыўматтағы барлық сол өзгерислердиң пайда болыўы ушын жүдә қысқа болғанынан ибарат. Жаңа Келисимди жазыўдан алдынғы ўақыт аралығының қысқалығы ҳаққында Дорт колледжинде Мухаддес Китапты оқытатуғын Саймон Кистемейкер мыналарды айтады: «Әййемги халықларда фольклорды жыйнаў — бул бәрҳа әсирлерге созылатуғын барыс. Ол көплеген әўладлардың қатнасыўын талап етеди. Егер «рәсмий критиклерди» тыңласақ, онда хош хабарлық ўақыялар бар болған, жаратылған ҳәм бир әўладтың өмиринде жыйналған болып шығады! Хош Хабардың бөлек тийкарларын жаратыў оларда ўақытта қысылған қандай да тез барысқа айналады». Алдын Дублин университетинде дин тәлийматының Патшалық профессоры болған А. Х. МакНил рәсмий критиклер шығарған аўызеки раўажланыў болжаўынан бас тартады. Ол Ийсаның сөзлерин сақлаў дәстүрине олардың итибар қаратыўы кереклигин көрсетеди. Егер Коринфлилерге жазылған 1-хаттың 7:10, 12, 25-аятларын дыққат пенен оқысақ, онда Ийсаның сөзлериниң қатты еслеп қалынатуғыны, Оның сөзлерин жазыў дәстүри бар болғаны анық көринеди. Яҳудий дининде шәкирт руўханийдиң сөзлерин ядлап қалыўы керек еди. Жақсы шәкирт «бир тамшы төгилмейтуғын ыдысқа» уқсайды. (Мишна, Абот, II, 8). К.Ф. Бернның теориясы бойынша («Ийемиздиң поэзиясы», 1925) Масихтың сөзлери арамей тилиндеги қосық қатарлары түринде берилген — оларды ядлаў усылай аңсат болған еди. Батыс Мичиган Университетинде әййемги тарийх пәни бойынша профессор Пол Майер былай деп жазады: «Масихыйлық қутқарылыў қыялын әсирлер даўамында «услап турған» ямаса мағлыўматлар ўақыядан көп кейин жазылып, ҳақыйқатқа туўры келмейтуғындай етип исендириў». Рәсмий критиканы анализлеп, У. Олбрайт былай деп жазады: «Я тарийхый усыллар, тарийхый артықмашлықларға ийе болмаған тек заманагөй гуманитариялар рәсмий критиклердиң Хош Хабар қоршағанындай пикирлеўдиң торын тоқыйды». Олбрайттың пикири бойынша, «жигирма ямаса елиў жыл — Ийсаның айтқан сөзлериниң негизи ҳәм анық сөзлери қандай да үлкен бурмалаўшылыққа дуўшар бола алыўы ушын жүдә қысқа мүддет». Көбинесе, биреў менен Мухаддес Китап ҳаққында сөйлесип, мен мынадай ескертиўди еситемен: Мухаддес Китапқа исениўге бола ма? Өйткени ол 2000 жыл алдын жазылған-ғо. Онда қәте ҳәм қарама-қарсылықлар толы. Мен бундай сәўбетшиге жуўабына бәрҳа мыналарды айтаман: — Мен Мухаддес Китапқа сүйене аламан деп ойлайман. Ал кейин тарийхшы студентлерге лекция оқығанымда мениң менен болған ўақыяны баянлап беремен. Бул лекцияда Жаңа Келисимниң ҳақыйқатлығы пайдасына басқа қәлеген он әдебият шығармасына қарағанда көбирек дәлиллерди келтириўге болатуғынын айттым. Олардың профессоры мүйеште отырған еди ҳәм: — Қойсаңызшы! — деп айтқандай күлимсиреди. Сол ўақытта мен оннан: — Неге сиз күлимсиреп атырсыз? — деп сорадым. Ал ол маған: — Билесиз бе, тарийхшыларға Жаңа Келисимниң исенимли екенин айтыў — бул сур бетлик! — деп айтты. Мен биреў маған усындай деп айтқанын жақсы көремен: бул жерде бәрҳа бир сораўды беремен (ҳәзирге шекем салмақлы жуўапты еситпедим). Мен оннан былай деп сорадым: — Илтимас, айтыңшы, мине сиз — тарийхшысыз; ҳәм қаншелли анық және ҳақыйқый екенин анықлаў ушын сиз әдебий ямаса тарийхый шығармаларға қандай белгилерди қолланасыз? Ең ҳайран қаларлысы, онда ҳеш қандай белгилер табылмады. Ал олар менде бар еди, мен оған сол ўақыттың өзинде олар туўралы айттым. Мухаддес Жазыўдың тарийхый ҳақыйқатлығы ҳәм исенимлилиги қәлеген басқа тарийхый ҳүжжетлерди тексериўде пайдаланатуғын белгилер тексерилиўи керек деп ойлайман. Әскерий тарийхшы К. Сандерс тарийхтың үш тийкарын салыўшы қағыйдасын сүўретледи ҳәм түсиндирди. Бул — библиографиялық тексериў, ишки көрсетпелерди тексериў ҳәм сыртқы көрсетпелерди тексериў. Библиографиялық тексериў Библиографиялық тексериў бизлерге шекем жетип келген ҳүжжетлердеги текстлердиң избеизлигин көрип шығыўдан ибарат. Басқа сөз бенен айтқанда (бизлер түп нусқасына ийе емеспиз), бизлерде бар болған нусқаның қаншелли анық екени: неше қол жазбалар бар ҳәм ўақыттың қайсы дәўири түп нусқалы ҳүжжетти бизлерге белгили нусқадан қашықластырады. Жаңа Келисимниң қол жазбаларына бизлердиң бай екенимизди баҳалаў аңсат: оны басқа қәлеген ески текстлер менен салыстырыў жетерли. Фукидида «Тарийхы» (б.э.ш. 460-400): бизлерде шама менен б.э. 900-жылға — яғный Оның өлиминен 1300 жылдан кейинге сәнеленген бары-жоғы сегиз қол жазба бар. Геродот «Тарийхының» қол жазбалары да сондай аз. Олар да кеш дәўирде сәнеленген ҳәм солай болса да Ф. Ф. Брюс айтқанындай, «ҳеш бир филолог-классик Геродот ямаса Фукидиданы тек бизлерге белгили шығармаларының қол жазбаларының түп нусқадан 1300-жылға қашықласқанының себебинен ҳақыйқатлығын гүман астына қоймайды». Аристотель өзиниң «Поэтика»сын шама менен б.э.ш. 343-жылы жазды, ал бизлерге белгили, б.э. 1100-жылға сәнеленген ертедеги дизими: қашықлығы дерлик 1400 жыл ҳәм бары-жоғы бес қол жазба бар. Цезарь «Галь әскерлериниң тарийхын» б.э.ш. 58 ҳәм 50-жылларының арасында жазды ҳәм оның ҳақыйқатлығы 1000 жылдан кейин исленген тоғыз ямаса он дизимниң тийкарында анықланады. Керисинше, Жаңа Келисимниң қол жазбаларының моллығы, усы жумыслар менен салыстырғанда, таң қаларлы болып көринеди. Масихтың дәўири ҳәм б.э.ш. екинши әсирдиң ортасындағы бос жерди толтырған ертедеги папируслар табылғанынан кейин басқа көплеген қол жазбалар табылды. Бүгинги күнде бизлерге Жаңа Келисимниң 20000 нан аслам қол жазбасы белгили. Салыстырыў ушын: атақлы «Илиада»ның 643 дизими белгили; қол жазбаларының көплиги бойынша ол Жаңа Келисимнен кейин екинши орынды ийелейди. Қол жазба ҳаққындағы илимде бурын Британия Музейиниң ректоры ҳәм библиографы болған мырза Фредерик Кенионға тең келетуғын адам жоқ. Оған төмендеги сөзлер тийисли: «Бул жағдайда түп нусқаны бизлерге белгили дизимлердиң ең ертедегисинен қашықластыратуғын бос ўақыт соншелли үлкен болғанлықтан, оларды көзге илмеўге болады. Мухаддес Жазыўдың бизлерге шекем барлық бөлимлеринде жазылған түринде жеткенине гүманланыўға басқа тийкар жоқ. Жаңа Келисим китабының ҳақыйқый ҳәм жалғыз екенлиги орнатылды деп тастыйықлаўға болады». Жаңа келисимлик грек тили бойынша қәнийге Дж. Гарольд Гринли былай деп қосады: «Илимпазлар исенимли түп нусқадағы шығармаларды әййемги классика сыяқлы қабыл етеди екен (бизлерге шекем ертеде жеткен усы шығармалардың дизимлери түп нусқадан көплеген әсирлерден кейин исленгенине ҳәм усындай дизимлердиң саны айтарлықтай үлкен емеслигине қарамастан), онда Жаңа Келисим орнатылды ҳәм ҳақыйқый деп есаплаўға болады». Жаңа Келисимге деген библиографиялық белгилерди қолланыў бизлерди исенимли шешимлерге алып келеди: қол жазбалық дизимниң саны бойынша ол әййемги әдебий шығармалардың қәлегенинен айтарлықтай асады. Егер буған 100 жыллық изертлеўди қоссақ, онда бизлерде ҳақыйқый Жаңа Келисим тексти бар екенин айтыўға болады. Ишки көрсетпелерди тексериў Библиографиялық тексериў ҳәзирше тек бир нәрсени көрсетти: қолымызда бар болған текст түп нусқасынан парқ қылмайды. Бирақ бизлерди еле жазып алынған ҳүжжетлерге қаншелли исениўге болатуғынын тексериў күтип турыпты. Бул ишки көрсетпелердиң машқаласы, яғный, К. Сандерстиң усылы бойынша ҳүжжеттиң тарийхыйлығының екинши белгиси, екинши тексерилиўи. Бул басқышта әдебий критик Аристотельдиң қағыйдасына ереди: «бар болған гүманды критиклердиң пикириниң пайдасына емес, ал ҳүжжеттиң пайдасына шешиўимиз керек». Басқа сөз бенен айтқанда, Джон У. Монтгомер бойынша: «Изертленген ҳүжжеттиң тастыйықлаўларына қулақ салыў керек; егер автор тек өзин қарама-қарсылықлар ямаса орнатылған қәтелер менен бийабырой етпесе ғана, қәтелик ямаса өтирик негизден шығыўдың кереги жоқ». Алдын Чикаго университетиниң тарийх пәни профессоры болған доктор Луи Готтшальк өзиниң усылын тарийхый изертлеўде кең қолланылатуғын сабақлығында сүўретледи. Готтшальк автордың ямаса гуўаның ҳақыйқатты «айтыў қәбилетинде» тоқтап өтеди. Бул қәбилет тарийхшыға, «егер ол күшти пайдаланыўдың нәтийжесинде алынған ямаса қандай да басқа қатнаста ҳәлсиз, яки еситиўден алынған мағлыўматларға тийкарланған ямаса әдилсиз гуўадан алынған ҳүжжетте бар болса да», хабардың исенимлилигин орнатыўға жәрдем береди. Бул «ҳақыйқатты қатты даўыс пенен айтыў қәбилети» сүўретленген ўақыяға гуўаның географиялық ҳәм ўақытша жақынлығы менен тығыз байланыста болады. Жаңа Келисимдеги Ийсаның өмири ҳәм тәлиминиң сүўретлемеси я олардың гуўасы болған адамларды билгенлерден жазып алынған. Лука (Лука 1:1–3): «Арамызда болып өткен белгили ўақыяларды көплердиң әлле қашан баян етпекши болғаны бизлерге мәлим. Олар бул ўақыяларға бастан-ақ гүўа болғанлардың ҳәм Хош Хабарды жәриялаўшылардың бизлерге жеткизген нәрселерин жазған еди. Солай етип, ҳүрметли Теофил, өзиңизге үйретилген бул тәлийматтың ҳақыйқый екенин сиз де билиўиңиз ушын, мен де бастан-аяқ ҳәммесин муқыятлап үйренип шығып...». Петр (Петрдиң 2-хаты 1:16): «Бизлер Ийемиз Ийса Масихтың қүдиретин ҳәм қайта келиўин сизлерге мәлим еткенимизде, ядтан ойлап табылған аңызларға тийкарланбадық. Ол Оның уллылығын өз көзлеримиз бенен көрген едик». Юхан (Юханның 1-хаты 1:3): «Сизлер де бизлер менен қарым-қатнаста болыўыңыз ушын, көргенимизди ҳәм еситкенимизди сизлерге жәриялап атырмыз. Бизлердиң қарым-қатнасымыз болса, Әке ҳәм Оның Улы Ийса Масих пенен болады». (Юхан 19:35): «Буны көрген адамның гүўалығы ҳақыйқат. Ол өзиниң ҳақыйқатлықты айтып атырғанын биледи. Сизлер де исениўиңиз ушын, ол гүўалық берди». (Лука 3:1) — «Рим патшасы Тибериус салтанатының он бесинши жылында Яҳудия үлкесинде Понтий Пилат ҳәкимлик қылды. Галиланы Ҳирод, Итурея ҳәм Трахонит үлкелерин оның иниси Филип, Абилена үлкесин Лисанияс басқарды». Сүўретленип атырған ўақыяларға бундай жақынлық гуўалар ислеген тастыйықлаўды тексериў ушын әҳмийетли нәрсе. Бирақ тарийхшыларға ўақыядан туўры жақын болып ҳәм ҳақыйқатты жәрдемши айта алатуғын болса да, өтирик мағлыўматты билип турып ямаса билмей айтатуғын өз көзи менен көрген гуўалар менен қатнаста болыўына туўры келеди. Жаңа Келисимде жазылған Масих ҳаққындағы гүрриңлер Оны тири ҳалында көрген адамлар жасаған ўақыттан баслап қолма-қол жүриўди баслады. Бул адамлар, ҳеш гүмансыз, бул гүрриңлердиң анықлығын тастыйықлап ямаса бас тарта алатуғын еди. Хош Хабарды жәриялап, елшилер Ийса туўралы айтқан ўақытларында ҳәммеге белгили нәрселерге сүйенетуғын еди. Олар тек ғана: «Бизлер өзимиз көрдик-ғо» ҳәм «Бизлер өзимиз еситтик-қо», — деп айтып қоймастан, олар қарсыластың жүзине қарап: «Сизлер де буны билесизлер», «Буны өзиңиз де көрдиңиз, сизлер буны билесизлер», — деп айтып, өз усылын өзгертетуғын еди. Адам өзиниң қарсыласына: «Сизлер өзиңиз буны билесизлер», — деп, егер өзи исенимли болмаса айтпайды: ол әҳмийетсиз тек майда-шүйдеде қәтелессе, бул қәте оған қымбатқа түседи. (Елшилер. 2:22) — «Израиллылар, мына сөзлерге қулақ салыңлар: хабарыңыз бар, Насыралы Ийса Қудайдың Ол арқалы араңызда ислеген кәраматлары, таң қаларлық ўақыялары ҳәм кәраматлы белгилери менен Қудай тәрепинен дәлилленген Адам еди». (Елшилер. 26:24–28) — «Павел усы тәризде өзин ақлап турғанда, Фест бәлент даўыс пенен: — Павел, сениң есиң дурыс емес! Көп оқығаның сени ақылыңнан аздырыпты! — деди. Павел былай деди: — Есим дурыс, ҳүрметли Фест! Мениң сөзлерим ҳақыйқатқа ҳәм ақылға сай. Патша бул нәрселер ҳаққында жақсы билгенликтен, мен оның менен еркин сөйлесип турман. Булардың ҳеш бириниң оның дыққатынан шетте қалмағанына исенемен. Өйткени бул бир шетте болған жоқ. Патша Агриппа! Сиз пайғамбарлардың сөзлерине исенесиз бе? Билемен, исенесиз. Сонда Агриппа Павелге: — Мени аз-маз ўақыттың ишинде көндирип, масихый қылмақшымысаң? — деди». Жаңа Келисимниң баҳалығы ҳаққында тарийхый биринши мағлыўматшы, Манчестер университетинде Мухаддес Китаптың критикасы ҳәм экзегетикасының профессоры Ф. Ф. Брюс мыналарды айтады: «…биринши ўазшыларға тек мийирман өз көзи менен көрген адамлар менен ғана қатнаста болыўына туўры келмеген еди: басқалары да, улыўма ашық жүзли болмағанлар да болды ҳәм Ийсаның өмири ҳәм өлиминиң жағдайы оларға жақсы белгили еди. Шәкиртлер өзлерине анық емес болыўына жол қоя алмайтуғын еди (ҳақыйқатты билип турып бурмалаў ҳаққында айтпағанда): олардан тап соны күтип турған адамлар оларды сол ўақытта-ақ әшкаралайтуғын еди. Керисинше, биринши ўазлардың күши елшилердиң тыңлаўшылардың хабардарлығына исенимли сүйенгенинен ибарат. Олар тек ғана: «бизлер гуўалары болдық», — деп айтып қоймастан, ал «хабарыңыз бар» (Елшилер. 2:22), — деп айтатуғын еди. Өйткени, егер олар күтилмегенде қандай да мағлыўматларда ҳақыйқаттан жүз бурғанында, онда қарсы болған гуўалардың қасында болыў мүмкинлиги ҳақыйқатты анықлаўға бәрҳа хызмет ететуғын еди». Лоренс Мак-Гинли (Сент Питер Колледж) қол жазбалы гуўалықларды көрип шығыў ўақтындағы қарсы турған гуўалардың роли ҳаққында мынадай деп айтады: «Ҳәммесинен бурын: дәстүрли баянлаў толық ислеп шығарылған ўақытта усы ўақыяларды өз көзи менен көргенлер еле тири еди. Усындай гуўалардың арасында усы жаңа диний қозғалыстың қарсыласлары да бар болды. Ҳәм солай болса да, дәстүр барлық белгили ислер ҳаққында гүрриңлер ҳәм ашық айтылған тәлимлердиң қәлеген жалган тастыйықлаўдан бас тартылған ўақтында жүз бергенин айтады». Жаңа Келисимди изертлеўши Роберт Грант (Чикаго университети) төмендеги шешимге келеди: «Синоптикалық Хош Хабар жазылған дәўирде (ямаса, олар сол ўақытта жазылған деп шамалаўға болады) өз көзи менен көрген адамлар еле тири еди ҳәм олардың гуўалықларын есаптан толық алып таслаўға болмайтуғын еди… Бул Хош Хабарды Ийсаның өмири, өлими ҳәм қайта тирилиўи ҳаққындағы ҳүжжетлер сыпатында, өзиниң исенимге ылайықлы болыўының тийкарында көрип шығыў дегенди аңлатады». Билими бойынша тарийхшы — изертлеўши болған Уилл Дюрант өмирин әййемги ҳүжжетлерди тексериўге бағышлады. Ол былай деп жазды: «Хош Хабаршылардың бурын келип шыққан ҳәм теологиялық теория пикирине қарамастан, «асырып көрсетиўшилер» үндемей қалатуғын ўақыяларды олар көп жазады: бул елшилердиң Патшалықта жоқары орынды ийелеўге талпынысы; олардың Ийсаны тутқынға алғаннан кейинги қашып кетиўи; Петрдиң таныўы; Ийсаның Галилада кәраматлар ислеўден бас тартыўы; тыңлаўшылардың Ол — делбе деген шамалаўы; оның — алдын — хызметинде исенимсизлиги; келешекти билмейтуғынын тән алыў; ашшы өкинишлер ўақты; Оның атанақ ағаштағы үмитсиз бақырысы. Усындай көринислердиң сүўретлемесин оқып, олардың артында ҳақыйқый жеккелик турғанына ҳеш ким гүманланбайды. Егер бир неше әпиўайы адам жасап атырған бир әўладтың көзинше усындай жарқын ҳәм өзине тартатуғын адамды, усындай жоқары әдеп-икрамлы ҳәм усындай инсаныйлық туўысқанлықты жигерлендиретуғын нәрсени ойлап таба алғанында, Хош Хабарда сүўретленген барлық кәраматлардан да әжайып кәрамат болар еди. «Жоқарыдан критикалаў» деп аталған еки әсирден кейин бизлерде Батыс адамларының тарийхында өзине қатты тартатуғын бетин қурайтуғын Масихтың өмири, минези ҳәм тәлийматы ҳаққында жетерли анық көзқарас қылды». Сыртқы көрсетпелерди тексериў Тарихыйлықтың үшинши белгиси — бул сыртқы көрсетпелерди тексериў. Сораў мыналардан ибарат: изертленген ҳүжжетлерде бар болған басқа қандай тарийхый мағлыўматлар тастыйықлайды ямаса бас тартады. Яғный, тексерилген ҳүжжетлерден тысқары басқа қандай мағлыўматлар оның анықлығы, исенимлилиги ҳәм ҳақыйқатлығын тастыйықлайтуғын гуўалықлардан ибарат? Готтшальк: «басқа тарийхый я илимий фактлер менен туўра келетуғыны ҳәм сәйкеслиги бир ямаса бир неше гуўалардың көрсетпелерин тексергенде көбинесе шешиўши белги болып табылады», — деп айтады. Елши Юханның еки достысы Юханның баянламасында бар болған мағлыўматларды тастыйықлайды. Тарийхшы Евсевий Иерапольдиң епископы Папияның шығармаларын цитаталайды (б.э. 130-жыл): Ақсақал да (елши Юхан) былай деп айтты: «Петрдиң дилмашы болған Марк ол (Петр) айтқан сөзлердиң ҳәммесин: Масихтың сөзлерин, ҳәм ислерин бир тәртипте емес ал анық жазып алатуғын еди. Себеби оның өзи Ийемиздиң я тыңлаўшысы, я жолдасы болған жоқ. Бирақ, әлле қашан айтқанымдай, нәтийжеде ол Ийемиздиң сөзлериниң сүўретлемесин қурайтуғындай емес, ал Масихтың тәлимин зәрүрлик болғанда пайдаланған Петр менен бирге жүрди. Ҳәм соның ушын Марк оның сөзлерин айтылыўы бойынша жазып алып қәте ислемеди — өйткени ол еситкенлеринен ҳеш нәрсени дыққаттан қалдырмаў ҳәм бир қәте жибермеўин гүзететуғын еди». Лионский епископы Ириней (б.э. 180-жыл; Ириней жаслығында елши Юханның шәкирти болған, өмириниң сексен алты жылында масихый болған Смирнский епископы Поликарптың шәкирти болды) былай деп жазды: «Матта өзиниң Хош Хабарларын яҳудийлердиң арасында, олардың ана тилинде таратты; усы ўақытлары Петр ҳәм Павел Хош Хабарды Римде жәриялады ҳәм сол жерде жәмәәт орнатты. Олар бизлерден кеткеннен кейин (яғный, олардың өлиминен кейин — 64-ж Неронның қуўдалаўы ўақтында), Петрдиң шәкирти ҳәм дилмашы Марк өз қолы менен бизлерге жазба түрде Петрдиң тийкарғы ўазларын берди. Павелдиң жолдасы Лука Хош Хабар китабында устазы қалай жәриялаған болса, солай жазды. Ал кейин Ийемиздиң шәкирти, Ийсаның көкирегине қойып жатқан Юханның өзи (Юхан 13:25 ҳәм 21:20-ға қараң) Азиядағы Ефес қаласында жасаған ўақтында өзиниң Хош Хабарларын жазды». Көбинесе жүдә салмақлы сыртқы көрсетпелерди бизлерге археология береди. Ол Мухаддес Китапты критикалық изертлеўге өзиниң үлесин қосады: әлбетте, руўханыйлық ямаса аян тараўында емес, бирақ ана я мына ўақыялардың сүўретлемесиниң анықлығын тастыйықлап археолог Джозеф Фри былай деп жазды: «Археология алдын критиклер тәрепинен тарийхый ямаса белгили фактлерге қарама-қарсы сыяқлы бас тартқан көп санлы көринислерди тастыйықлады». Бизлер археологияның мырза Уильям Рамсидиң Лука жазбаларының тарийхый баҳалығына болған өзиниң жаман қатнасын қалай өзгерткенин ҳәм бул оны Елшилердиң ислери китабы географияны, әййемги тарийхты ҳәм Киши Азиядағы ҳәммеге белгили ўақыяны анық сүўретлейди деген жуўмаққа алып келгенин әлле қашан көрдик. Ф. Ф. Брюс былай деп айтады: «Бизлер археология Жаңа Келисимди тастыйықлады деп толық ҳуқық пенен айта аламыз. Алдын натуўры деп есапланған Лука жазған Хош Хабардың барлық сол орынлары енди сыртқы дәлиллер арқалы исенимли деп тән алынды». Әййемги дәўирдиң тарийхшысы А. Н. Шервин-Уайт былай деп жазады: «Елшилердиң ислери китабының тарийхый анық екениниң дәлиллери бизлерде жетерлише бар». Кейин ол былай деп қосады: «Ҳәзирги ўақытта оның тарийхый исенимли екенине азғантай да болса тартысыўдың қәлеген ҳәрекети — бул анық ақмақлық. Ески Рим менен шуғылланатуғын тарийхшылар әлле қашан оны гүман туўдырмайтуғын мағлыўмат деп қабыл етеди». Мениң өзим Жаңа Келисимниң тарийхый емеслиги ҳәм гүманлы екенин дәлиллеў ушын көп ўақыт сарпладым ҳәм ақыр-ақыбет, ол тарийхый ҳүжжет сыпатында толық исенимге ылайықлы деген жуўмаққа келдим. Егер кимдур Мухаддес Китап — дәл усы мәнисте исенимли емес деп айтса, онда ол әййемги әдебияттың ҳәммесин бир ўақытта жоққа шығарыўы керек. Көбинесе адамлар әпиўайы «дүньялық» әдебиятқа бирдей белгилерди, ал Мухаддес Китапқа улыўма басқаларын қолланады. Бундай етиўге болмайды. Дүньялық па ямаса диний ме қандай болыўына қарамастан, әдебиятты изертлегенде баҳалаўдың бирдей өлшемин пайдаланыў керек. Ҳәм сол ўақытта — исенемен — бизлер Мухаддес Китап — бул Ийса ҳаққында ылайықлы ҳәм исенимли тарийхый гуўалық деп айта аламыз. Риджент-колледжинде систематикалық теология бойынша профессор доктор Кларк Х. Пинок былай деп айтты: «Бизлерде сонша әжайып жазба ҳәм тарийхый гуўалықлар болатуғындай ҳәм ойланылған жуўмаққа келиўге жол беретуғын тарийхый гуўалықлардың сонша әжайып көлемин беретуғын әййемги дәўирдиң бир де бир ҳүжжети жоқ. Усындай түрдеги мағлыўматты ҳеш бир әдил адам есаптан шығарып таслай алмайды. Масихыйлықтың тарийхый ҳақыйқатлығының мәнзили бойынша скептицизм ойсыз исенимге тийкарланады». 5-бап. Өтирик ушын ким өлимге барады? Көбинесе мүмкин болған масихый критикашылар Ийсаның елшилериниң өмиринде жүз берген өзгерислерди көрмейди. Бул өзгерислер — Масихтың сөзиниң әдиллигиниң тастыйықлайды. Масихый исеним тарийхый болып табылатуғыны себепли, оны үйрениўде бизлерге жазба гуўалық пенен бирге аўызеки гуўалықтан да пайдаланыўымызға туўра келеди. «Тарийхтың» бир неше аңлатпалары бар. Мен олардың ең жақсысы — бул «гуўалықларға тийкарланған өтмишти билиў» деп есаплайман. Ҳәм егер маған кимдур қарсы болса, онда мен оған мынадай сораўды беремен: — Сиз Наполеонның ҳақыйқаттан бар болғанына исенесиз бе? Әдетте жуўап келисимли болады. Мен және былай деп сорайман: — Ал сиз оны көрдиңиз бе? Адам, әлбетте: — Яқ, — деп жуўап береди. — Онда сиз бул туўралы қаяқтан билесиз?.. Адамлар тек гуўалықларға сүйенеди. Тарийхтың бул анықламасы әҳмийетли машқаланы изине тартады: гуўалық исенимли болыўы керек. Болмаса тыңлаўшы натуўры мағлыўмат алады. Масихыйлық гуўалықларға тийкарланған өтмиш ҳаққында билимди талап етеди ҳәм бизлер мынадай сораўды бериўимиз керек: «Ийса туўралы аўызеки гуўалықларға исениўге бола ма? Ийсаның сөзлерин ҳәм ислерин олар туўры берди деп есаплай аламыз ба?» Мен — аўа деп ойлайман. Мен елшилердиң гуўалықларына исенемен, себеби сол он екисинен — он бири қыйналып қайтыс болды. Масихтың қайта тирилгени ҳәм Оның — Қудайдың Улы екенине исенгенлиги себепли набыт болды. Оларды қыйнады, қамшы менен урды ҳәм, ақыр-ақыбет сол ўақытлары белгили болған ең азаплаўшы ҳүкимлерге дус болды: 1. Петр — атанақ ағашқа шегеленди. 2. Андрей — атанақ ағашқа шегеленди. 3. Матта — қылыштың соққысынан қайтыс болды. 4. Юхан — өз өлими менен өлди. 5. Алпейдиң улы Яқып — атанақ ағашқа шегеленди. 6. Филипп — атанақ ағашқа шегеленди. 7. Симон — атанақ ағашқа шегеленди. 8. Тадей — оқлар менен өлтирилди. 9. Ийсаның иниси Яқып — тас боран қылынды. 10. Томас — қылыштан өледи. 11. Бартоломей — атанақ ағашқа шегеленди. 12. Зебедейдиң улы Яқып — қылыштың соққысынан өлди. Бул жерде әдетте маған бирден қарсылық етеди: — Көп адам өтирик ушын өлсе не болыпты, бул ҳеш нәрсени дәлиллемейди: Аўа, көп адам өтирик ушын өлди, бирақ олар бул — ҳақыйқат деп есаплады! Егер ҳақыйқатында қайта тирилиў болмаған болса (яғный, егер бул өтирик болса), онда шәкиртлер бул туўралы билер еди. Мен олардың алданғанын көз алдыма келтире алмайман. Бул он бир адам тек ғана өтирик ушын өлмеди, бирақ ең баслысы, олар өтирик ушын өлип атырғанын билетуғын еди! Адамзат тарийхында өтирик ушын билип турып өлимге баратуғын он бир адамды табыў қыйын. Елшилер ислеген нәрселердиң ҳәммесин толық баҳалаў ушын бир неше нәрсени итибарға алыўымыз керек. Бириншиден, олар жазғанда ҳәм сөйлегенинде өзлери айтып атырған нәрселерди өз көзи менен көриўшилер сыпатында шығып сөйледи. Петр былай деп айтты: «Бизлер Ийемиз Ийса Масихтың қүдиретин ҳәм қайта келиўин сизлерге мәлим еткенимизде, ядтан ойлап табылған аңызларға тийкарланбадық. Ал Оның уллылығын өз көзлеримиз бенен көрген едик» (Петрдың 2-хаты 1:16). Сөзсиз, елшилер ойлап табылған ҳәм аңыздан ҳақыйқатты ажырата алатуғын еди. Юхан яҳудийлер өз көзлери менен көргенликтен биледи деп айтады: «Ең бастан бар болған өмир Сөзи ҳаққында: Оны еситкенимизди, өз көзлеримиз бенен көргенимизди ҳәм анықлап көрип, Оған қолларымызды тийгизгенимизди сизлерге жәриялап атырмыз. Өмир ашық көринди, бизлер Оны көрдик ҳәм Ол туўралы гуўалық берип атырмыз. Әке менен бирге болып, бизлерге көринген мәңгилик Өмирди сизлерге жәриялап атырмыз. Сизлер де бизлер менен қарым-қатнаста болыўыңыз ушын, көргенимизди ҳәм еситкенимизди сизлерге жәриялап атырмыз. Бизлердиң қарым-қатнасымыз болса, Әке ҳәм Оның Улы Ийса Масих пенен болады» (Юханның 1-хаты 1:1–4). Әлле-қашан көргенимиздей, Лука былай деп жазды: Арамызда болып өткен белгили ўақыяларды көплердиң әлле қашан баян етпекши болғаны бизлерге мәлим. Олар бул ўақыяларға бастан-ақ гуўа болғанлардың ҳәм Хош Хабарды жәриялаўшылардың бизлерге жеткизген нәрселерин жазған еди. Солай етип, ҳүрметли Теофил, өзиңизге үйретилген бул тәлийматтың ҳақыйқый екенин сиз де билиўиңиз ушын, мен де бастан-аяқ ҳәммесин муқыятлап үйренип шығып…» (Лука 1:1–4). Кейин, Елшилердиң ислери китабында Лука Масих қайта тирилгеннен кейин, Оны шәкиртлери көрген сол қырық күнди сүўретлейди: «…Мен биринши китабымда, Ийсаның ислеўге ҳәм үйретиўге кирискенинен баслап, Өзи таңлаған елшилерине Мухаддес Руўх арқалы буйрықлар бергеннен соң, аспанға алынған күнине дейин болған ўақыялардың ҳәммесин жазған едим. Ол азап шегип өлгеннен кейин, көп исенимли дәлиллер менен елшилерге Өзиниң қайта тирилгенин көрсетти. Қырық күн даўамында оларға көринип, Қудайдың Патшалығына байланыслы нәрселер ҳаққында айтты» (Елшилер. 1:1–3). Өзиниң Хош Хабарының соңғы бөлимин Юхан мынадай деп баслайды: «Ийса шәкиртлериниң алдында, бул китапта жазылмаған басқа да көп кәраматлар иследи» (Юхан 20:30). Өз көзи менен көргенлердиң усы гуўалықларының баслы қурамы Ийсаның қайта тирилиўи ҳаққындағы ўақыя болып табылады. Елшилердиң өзлери Оны өлимнен қайта тирилгеннен кейин көрди: Лука 24:48 Юхан 15:27 Елшилер 1:8 Елшилер 2:24, 32 Елшилер 3:15 Елшилер. 4:33 Елшилер. 5:32 Елшилер 10:39, 41 Коринф. 1-хаты 15:4–9 Елшилер 13:31 Коринф. 1-хаты 15:15 Юханның 1-хаты 1:2 Елшилер 22:15 Елшилер 23:11 Елшилер 26:16 Екиншиден, елшилердиң өзин Ийсаның ҳақыйқаттан да өлимнен қайта тирилгенине исендириў керек еди. Алдын олар исенбеди. Олар қашып кетти ҳәм жасырынды (Марк 14:50). Олар өзлериниң гүманларын ашық айтты. Ҳәм тек исенимли гуўалықлардың пүткил қатарын алғанынан кейин ғана исенди. Шегениң орнына бармаған тийгизбегенше, Масихтың қайта тирилгенине исенбейтуғынын айтқан Томасты есиңизге түсириң. Көп жыл өткеннен кейин, Томас Масих ушын азапланып өлди. Ол да алданды ма? Ол керисин дәлиллеў ушын өмирин берди. Кейин Петр. Ҳүким ўақтында ол Масихтан бир неше мәртебе таныды. Ҳәм ақыр-ақыбет, Ийсадан бас тартты. Бирақ бул қорқақ пенен бир нәрсе жүз берди. Масихты атанақ ағашқа шегелеген ҳәм қәбирге қойғаннан бир неше күн өткеннен кейин, Петр Ерусалимге барды ҳәм өлтириў қәўпине қарамастан ўазында Ийсаның Масих екенин ҳәм қайта тирилгенин қорқпастан айтты. Ақыр-ақыбет Петр басы төменге қаратылып атанақ ағашқа шегеленди. Ол да алданды ма? Оның менен не жүз берди? Ийсаның иси ушын оны не нәрсе қорқпайтуғын гүресши қылды? Неге ол Ийса ушын өлиўге таяр болды? Мен қанаатландырарлы деп тапқан жалғыз түсиник Коринфлилерге жазылған 1-хаттың 15:5 да бар — «Ол Кифаға келди» (яғный Петрға, Юхан 1:42-қа қараң). Өз еркине қарсы исенген адамның үлгиси — бул Ийсаның иниси Яқып (Матта 13:55, Марк 6:3). Яқып биринши он еки шәкирттиң ишинде болмаған болса да (Матта 10:2–4), кейинирек ол Павел ҳәм Барнава сыяқлы (Елшилер. 14:14) елши деп тән алынды (Галат 1:19). Ийса тири ўақтында Яқып әжағасы Ийсаның — Қудайдың Улы екенине исенбейтуғын еди (Юхан 7:5). Ол инилери ҳәм қарындаслары менен бирге Ийсаның үстинен күлгени де итимал: — Сен адамлардың Өзиңе исениўин қәлейсең бе? Сен Ерусалимге барып ҳәм ислериңди сол жерде ислегениң жақсы болар еди! Бәлким, Яқып өзи ушын ҳәм шаңарағы ушын Ийсаның жергиликли жерде жүргенин ҳәм өзиниң шектен шығатуғын қарсылықлары менен ҳәммениң күлкисин келтиретуғынын кемситиў деп есаплаған шығар («Мен жол, ҳақыйқат ҳәм өмирмен. Мен арқалы болмаса, ҳеш ким Әкеге бара алмайды» — Юхан 14:6; «Мен — жүзим ағашыман, сизлер — шақаларысыз…» — Юхан 15:5; «Мен — жақсы шопанман… олар да Мени биледи» — Юхан 10:14). Егер иниңиз усындай сөзлерди айтыўды баслағанда сиз нени ойлаған болар едиңиз? Бирақ Яқып пенен бир нәрсе жүз берди. Ийсаны атанақ ағашқа шегелеп, қәбирге қойғаннан кейин, Яқып Ерусалимде ўаз айтыўды баслады. Ол Ийса адамлардың гүнасы ушын өлди, қайта тирилди ҳәм тири деп айтты. Нәтийжеде Яқып Ерусалим ибадатханасының басшыларының бири болды ҳәм «Яқыптың хатын» жазды. Ондағы биринши сөзлер — «Мен, Қудайдың ҳәм Ийемиз Ийса Масихтың қулы Яқыптан». Оның иниси. Яқып азаплы өлим менен өлди: ол бас руўханий Ананияның буйрығы бойынша тас пенен урылды (Иосиф Флавия бойынша). Яқып та алданды ма? Яқ, жалғыз исенимли анықлама маған Коринфлилерге жазылған 1-хатта усынылады (15:7): «Буннан соң, Ол Яқыпқа, кейнинен барлық елшилерге көринди». Егер қайта тирилиў болмаған болса, онда елшилер буның — өтирик екенин билген. Бәлким, олар қандай да қыялды устанған шығар? Бундай шамалаўды бизлердиң адамгершилик сыпатына ийе бул адамлар ҳаққында билетуғын нәрселеримизге сәйкес келтириў қыйын. Олардың өзлери өтирикти ҳүким еткен ҳәм әдил болыўдың қандай әҳмийетли екенин айтып өткен. Олар адамларға ҳақыйқатты ашыўға талпынған. Тарийхшы Эдвард Гиббон өзиниң «Рим империясының қулаў ҳәм набыт болыў тарийхы» атлы белгили китабында, «биринши масихыйлардың таза, солай болса да қатаң үгит-нәсиятлары масихыйлықтың тез таралыўының бес себебиниң бири болды деп айтады. Ноттингемдеги Мухаддес Юхан колледжиниң ректоры Майкл Грин былай деп айтады: «Қайта тирилиўге болған исеним атанақ ағашқа шегеленген ўазшының азғырған шәкиртлерин ертедеги жәмәәттиң қорқпайтуғын гуўалары ҳәм азапланыўшыларына айналдырды. Дәл усы исеним Ийсаның шәкиртлерин басқа яҳудийлерден айырып турды, ол оларды бир топарға айналдырды. Оларды қамақханаға таслаўға, азаплаўға болатуғын еди, бирақ оларды «Ийсаның үш күннен кейин қайта тирилгенине» исениминен бас тартыўға мәжбүр етиў мүмкин емес еди. Үшиншиден, устазы қайта тирилиўден елшилердиң жүрис-турысында пайда болған батырлық, буның ҳәммеси қыял деген шамалаўды ислейди. Олар күтилмегенде — бир түнниң ишинде — батыр болды. Ийсадан таныған Петр, күтилмегенде, өлим қәўпи менен, Ийсаның қайта тирилген ҳәм тири екенин айтып бар даўысы менен жәриялады. Басшылар Масихтың шәкиртлерин услап алды, оларды сабады, бирақ олар тез арада Ийса ҳаққында ашық айтып, Ерусалим көшелеринде және жүрди (Елшилер 5:40–42). Олардың дослары олардың өмирге уқыплы екенин, ал душпанлары — батырлығын көрди. Олар қандай да басқа ўәлаятта емес, ал Ерусалимниң өзинде ўаз айтты. Ийсаның шәкиртлери, егер Ийсаның қайта тирилгенине исенбегенинде азап ҳәм өлимге бара алмайтуғын еди. Олардың исенимди бир аўыздан жәриялаўы, олардың батырлық ҳәрекети — таң қаларлық еди. Қандай да адамлар топарында бир аўыздан келисимге келиў улыўма қыйын, бирақ олардың ҳәммеси қайта тирилиўдиң ҳақыйқат екенин тастыйықлады. Егер олар өтирикши болған болса, онда олардың биреўи болса да азаплаў астында «сынбағанын» түсиндириў жүдә қыйын. Француз илимпазы ҳәм философы Паскаль былай деп жазды: «Елшилер жалатай болды деген болжаў ақмақлық. Бул айыплаўды логикалық жуўмаққа алып барыўға ҳәрекет етейик, бул он еки адам Ийса Масихтың өлиминен кейин ушырасып ҳәм Ол қайта тирилди деп айтыўға келискенин көз алдымызға келтирейик. Бул ҳәм дүньялық, ҳәм диний негиздиң үзилисин аңлатқан болар еди. Адамның жаны турақсызлық ҳәм өзгериўшеңликке таң қаларлы түрде дуўшар болады, оны ўәделер менен екилендириўге, материаллық затлар менен тартыўға болады. Егер ең болмағанда олардың биреўи усындай күшли азғырыўларға берилгенинде ямаса қамақхана ҳәм азаптың күшлирек белгилериниң алдында шыдап тура алмағанында, олардың ҳәммеси набыт болған балар еди». «Олардың ҳәммеси бир күнде, Ийсаның сөзлерин ҳәм қайта тирилиўин жәриялаған пүткил үш жерде душпанларға, мысқылларға, шексиз сынақларға, қамақханаға ҳәм өлимге де қарсы шыққан жеңилмейтуғын белсенди топарға қалай айналды?» — деп Майкл Грин сорайды. Бир атақлы автор елшилердиң өмиринде жүз берген өзгерислерди мынадай етип сүўретлейди: «Ийса атанақ ағашқа шегеленетуғын күни олар қайғыға, ҳәптениң биринши күнинде қуўанышқа толды. Ийса атанақ ағашқа шегеленетуғын күни олар үмитин жоғалтты, ҳәптениң биринши күни олардың жүреги исеним ҳәм үмитке толы болды. Олар қайта тирилиў ҳаққында биринши мәрте еситкенинде, исенимсизлик көрсетти, оларды исендириў қыйын еди, бирақ олардың өзлери өз көзи менен көргеннен кейин бир мәрте болса да гүманланбады. Усындай қысқа ўақытта бул адамларда болған өзгеристи не менен түсиндириўге болады? Өз-өзинен денениң қәбирде жоқ болыўы олардың минезин өзгертип ҳәм руўхын беккемлей алатуғын еди. Үш күн — оларға усындай түрде тәсир ететуғындай аңыздың пайда болыўы ушын жүдә қысқа мүддет. Аңызларды дүзиў ушын ўақыт керек. Бул психологиялық ҳақыйқат түсиндирмелерди талап етеди. Дүньяға ең жоқары әдеп-икрамлық тәлимди берген бул еркек ҳәм ҳаял гуўалардың минези ҳаққында ойланып көриң. Олардың қарсылықларының гуўалығы бойынша олар оны өмиринде қолланған. Мынаны көз алдыңызға келтириўге ҳәрекет етиң: қатты қорқақ адамлардың азғантай топары әжайып күнлердиң биринде қандай да жерде жыйналады ҳәм бир неше күннен кейин ҳеш қандай қуўдалаў менен үндемеўге мәжбүр етиў мүмкин болмаған бир топарға айналды; олар дүньяға алып барыўға умтылған бул өзгеристи түсиндириўге ҳәрекет етиў — толық мәниссизлик». Кеннет Скотт Латуретт былай деп жазады: «Қайта тирилиўдиң ақыбетлери ҳәм шәкиртлерге Мухаддес Руўхтың түсиўи… үлкен әҳмийетке ийе. Ийсаға қандай үмит еткенин қапашылық пенен еслеген үмитсизленген ҳәм кеўли қалған адамлар руўхланған гуўаларға айналды». Пол Литтл мынадай сораўды береди: «Жәмийеттиң әдеп-икрамлық дүзилиси олар себебли өзгерген бул адамлар кимлер: аса кеткен өтирикшилер ме ямаса алжасқан делбелер ме? Усы вариантлардың қәлегенине қайта тирилиў фактине қарағанда исениў қыйын ҳәм соның менен бирге ана я мына варианттың пайдасына ең әҳмийетсиз дәлилдиң биреўи де жоқ». Елшилердиң тербелмейтуғын исеними — өлемен дегенше — жеңил түсиндирмелерге берилмейди. «Британик» энциклопедиясының мағлыўматы бойынша, Ориген Петр басы төменге қаратылып, атанақ ағашқа шегеленди деп хабарлайды. Петрдиң өлимин Герберт Уоркман төмендегидей етип сүўретлейди: «Ийемиз алдын ала айтқанындай, Петрды байлап ҳәм Авремия жолы бойынша, оның көплеген туўысқанларын жаўыз жазаға дуўшар еткен Ватикан төбесиндеги Неронның бағына жақын жерге өлимге алып барды. Оның өтиниши бойынша оны Ийесине уқсап азап шегиўге ылайықлы емес болғанлықтан, басын төменге қаратып атанақ ағашқа шегеледи». Гарольд Миттингли өзиниң тарийхый шығармасында былай деп жазады: «Елшилер мухаддес Петр ҳәм мухаддес Павел өзлериниң гуўалықларын қан менен жазды». Тертуллиан: «өзиниң ҳақлығына исенимсиз болған ҳеш ким өлиўди қәлемейди», — деп жазды. Гуўалықлардан қалай көрсетпелер алыўды ҳәм көрсетпелердиң ҳақыйқый екенин қалай анықлаўды студентлерге көп жыл үйреткен Гарвардтың профессор-юристи Саймон Гринлиф төмендеги жуўмаққа келеди: «Әскерий тарийхтың пүткил жыйнағында усындай пикирге, қаҳармалық садықлықты, сабырлылық ҳәм тербелмейтуғын батырлықты таба алмайсаң. Оларда өзлериниң исениминиң ҳәм өзлери қорғаған уллы факт ҳәм ҳақыйқатлардың гуўалықларының тийкарын жақсылап қайта көрип шығыў ушын барлық ойланылған себеплер бар еди». Елшилер өз өлими менен өз сөзлериниң ҳақыйқатлығын дәлилледи. Мен мынаған исенимлимен: өзлери исенетуғын нәрсе ушын өлимге бармақ түўе, көшени де кесип өтпейтуғын көплеген заманласларымның сөзлерине қарағанда, олардың сөзлерине мен көбирек исене аламан. 6-бап. Өли Мессия кимге керек? Көпшилик адамлар ҳақ иси ушын набыт болды. Вьетнам урысына қарсылығының белгиси сыпатында өзин өртеп жиберген Сан-Диеголы студентти есиңизге түсириң. Алпысыншы жыллары көплеген буддистлер Түслик-Шығыс Азияға пүткил жәмийеттиң итибарын қаратыў ушын өзлерин өртеген еди. Елшилер ушын машқаланың негизи олардың исиниң атанақ ағашта набыт болғанында. Олар Ийсаның — Мессия екенине исенетуғын еди. Олар Оның өлиўи мүмкинлигине исенбейтуғын еди. Олар Ол Қудайдың Патшалығын жаратып ҳәм Израил халқын басқарады деп исенетуғын еди. Елшилердиң Масихқа деген қатнасын түсиниў ушын, олар деп атанақ ағашқа шегеленген Ийсаға қол жетпеслигин түсиниў ушын, Масихтың дәўириндеги Мессия ҳаққындағы көз-қарасты анықлаў керек. Ийсаның өмири ҳәм тәлийматы масихыйлықтың барлық яҳудий теориялары менен шешилмейтуғын қарама-қарсылықта еди. Балалықтан яҳудийлерге Мессия келген ўақытта Ол сиясаттың патшалық, жеңимпаз басшысы болады деп үйретилген. Ол яҳудийлерди қуллықтан азат етеди ҳәм Израилдың алдынғы даңқын тиклейди. Азап шеккен Мессия «масихыйлықтың яҳудийлик негизине улыўма жат еди». И. Ф. Скотт Масихтың дәўирин былай сүўретлейди: «…бул бурын болмаған толқынланыўлар дәўири болды. Диний басшылар халықтың көтерилисин зорға услап турды: ҳәммеси ўәде етилген қутқарыўшыны барлық жерден күтти. Бул күтиў сезими, сөзсиз, елдиң жақында болған тарийхының ўақыялары менен беккемленген. Әлле қашан яҳудийлердиң пүткил әўлады олардың азатлығын түрлише шеклеген рим басшылығының қол астында жасады; римлилердиң жазалары ўатан сүйиўшилик сезимин оятты ҳәм беккемледи. Бул аўыр дәўирде Ол алып келетуғын кәраматлы қутқарылыў ҳаққында ҳәм патша-Мессия ҳаққында ески әрман жаңа мәниске ийе болды, бирақ негизинен онда жаңадан ҳеш нәрсе жоқ еди. Хош Хабарларда сүўретленген ақыллардың қозғалыўы күтиўдиң узақ даўам ететуғын дәўиринен бурын болған. Көпшилик турғынлар ушын Мессия көп жыл алдын Ийшая ушын ҳәм Даўыттың уллары болған оның заманласлары ушын яҳудий халқына жеңис ҳәм гүллениў алып келетуғын ким болған болса сондай болды. Хош Хабар дүньясында халыққа тарқалған Мессия ҳаққындағы көз-қарастың биринши гезекте миллетлик ҳәм сиясий сыпатты алып жүргенлиги улыўма түсиникли болады». Яҳудий илимпазы Джозеф Клауснер былай деп жазады: «Мессия тек ғана уллы сиясат басшысы болып қоймастан, ал айрықша әдеп-икрамлық сыпатқа ийе адам болды». Джейкоб Гартенхус Масихтың дәўириндеги көплеген яҳудийлерге ортақ болған кейпиятты сүўретлейди: «Яҳудийлер өзлерин римниң азаплаўынан қутқаратуғын Мессияны күтти… Масихыйлық үмит, биринши гезекте, миллетлик азат етилиўде қурылды». «Яҳудийлик энциклопедия» яҳудийлер оларды жат жерлилердиң зулымлығынан азат етип, римлилердиң әдилсиз бийлигине шек қойып, өзиниң тыныш ҳәм әдил патшалығын орнататуғын Даўыттың үйинен ўәде етилген қутқарыўшыны көриўди күтти». Бул дәўирде яҳудийлер ўәде етилген Мессия пикиринде үмит жыйнады. Елшилер Мессияға өзлерин қоршаған адамлар сыяқлы исенди. Миллар Бэрроуз жазғанындай, «Ийса яҳудийлердиң өзлерине Даўыттың Улын сүўретлегенине соншелли уқсас емес болғанынан, Оның шәкиртлери де Мессия менен Ийса пикирин қатты қыйыншылық пенен байланыстырды». Ийсаның Өзин күтип турған атанақ ағашқа шегелениўи ҳаққындағы қайғылы сөзлери шәкиртлеринде руўхланыўшылықты келтирмеди (Лука 9:22). А. Б. Брюс айтқанындай, «Ол ҳәзирги жағдайына жүдә муңлы қараўынан, Оның қорқынышлары тийкарсыз болып шығыўына еле үмит бар сыяқлы еди… атанақ ағашқа шегеленген Масих — елшилер ушын шерменделикти аңлататуғын еди, бунда шешилмейтуғын қарама-қарсылық бар еди ҳәм көплеген яҳудийлер Ийемиз аспанға көтерилгеннен кейин де усы исенимде қалды». Бурын Оксфорд профессоры болған Альфред Эдерсхейм, «бизлердиң Масих ҳаққында билетуғынларымыздың ең таң қаларлысы — бул ол адамларға келген сол ўақыт», — деп айтып, ҳақ еди (8). Жаңа Келисим бойынша елшилердиң Масихқа деген қатнасын бақлаўға болады: олар Жеңимпаз-Мессияны күтти. Ийса шәкиртлерине Өзиниң Ерусалимге барып, сол жерде азапты қабыл етиўи кереклигин айтқанынан соң, Яқып ҳәм Юхан Оның салтанатлы патшалығында биреўин оң жағына, екиншисин сол жағына отырғызыўына ўәде етиўин илтимас қылды (Марк 10:32–38). Сол ўақытта олар қандай Мессия ҳаққында ойлады? Азап шегиўши, атанақ ағашқа шегеленетуғын Мессия ҳаққында ма? Яқ, сиясий басшы ҳаққында. Ийса оларға жуўабында Өзиниң сөзлерин түсинбегенин ҳәм не ҳаққында сорап атырғанын билмейтуғынын айтты. Ийса Өзиниң азап шегиўин ҳәм атанақ ағашқа шегелениўин алдын ала айтқан ўақтында, он еки елши Оның нени нәзерде тутып атырғанын түсине алмайтуғын еди (Лука 18:31–34). Олардың келип шығыўы ҳәм тәрбиясы өзлерин «жақсы өмир» күтип турғанын ойлаўға мәжбүр етти. Ал кейин — Голгофа болды. Ийсаның Мессия болыўына деген барлық үмитлери сынды. Үмитсизленген елшилер үйлерине тарқасты. Усы жыллардың ҳәммеси босқа сарпланған. Фуллер атындағы Теологиялық семинарияның Жаңа Келисим бойынша профессоры доктор Джордж Лэдд былай деп жазады: «Сонлықтан, Оны тутқынға алғанында шәкиртлери Оны таслап кетти. Олар душпанларының ҳәммесин Өзине бағындыратуғын жеңимпаз Мессияға исенгени соншелли, олар қамшының соққыларынан ҳәлсизленген ҳәм қаны ағып турғанын, Пилаттың қол астында жазалаўға алып баратырған ҳәлсиз тутқынды ең әпиўайы жынаятшы сыяқлы атанақ ағашқа шегелегенин ҳәм Оның өлейин деп атырғанын көрген ўақтында — олардың Масихқа деген барлық масихыйлық үмитлери күлге айналды. Психологиядан бизлер тек күткен нәрсемизди еситетуғынымызды билемиз. Келешектеги азаплар ҳәм өлим ҳаққында Ийсаның алдын ала айтыўы еситилмей қалды. Оның ескертиўлерине қарамастан, шәкиртлери улыўма таяр емес болып шықты…». Бирақ бир неше ҳәпте өткеннен соң, өзлериниң барлық гүманларына қарамастан, шәкиртлери Ерусалимге қайтты ҳәм яҳудийлердиң Мессиясы сыяқлы Ийсаны Қутқарыўшы ҳәм Қудай сыпатында алғыслаўды баслады. Мен таба алатуғын жалғыз исенимли түсиндирме Коринфлилерге жазылған 1-хаттың 15:5-аятында берилген — «Ол Кифаға, кейин он еки шәкиртине көринди». Буннан тысқары, халыққа Хош Хабар айтқан, азапты қабыл еткен ҳәм атанақ ағашқа шегеленген Мессия ушын өлген шәкиртлер қапашылыққа түскенинде не нәрсе күшке енгизди. Көринип турғанындай, ҳақыйқаттан, «Ол азап шегип өлгеннен кейин, көп исенимли дәлиллер менен елшилерге Өзиниң қайта тирилгенин көрсетти. Қырық күн даўамында оларға көринип, Қудайдың Патшалығына байланыслы нәрселер ҳаққында айтты» (Елшилер. 1:3). Аўа, көплеген адамлар ҳақ ис ушын өлди, бирақ елшилердиң ҳақ иси атанақ ағашта набыт болды. Тек қайта тирилиў ҳәм Масих пенен кейинги ушырасыў Оның ҳақыйқаттан Мессия екенине шәкиртлерин исендирди. Ҳәм буның гуўалығы — тек ғана олардың сөзлери ҳәм өмири емес, ал олардың өлими де. 7-бап. Саул менен не жүз бергени туўралы еситтиңиз бе? Достым Джек, мен сыяқлы университетлерде жийи шығып сөйлейди. Ҳәм мине оны бир күни күтилмеген саўға күтип тур еди. Студентлер оған «университеттиң Қудайға исенбейтуғын адамы»ның қатнасында ашық тартысты өткериўди шешти. Оның «қарсыласы» жүдә сөзге шешен ҳәм масихыйлыққа қатнасы бойынша қарсы турған философия профессоры болды. Джек биринши болып сөйледи. Ол Ийсаның қайта тирилиў пайдасына гуўалықлар ҳаққында, елши Павелдиң исеними ҳаққында анық айтып берди ҳәм соңында университетте оқып атырған ўақытларында өзиниң өмирин Масихтың қалай өзгерткени туўралы гуўалықлары менен бөлисти. Бирақ ол жуўмақлап болғанындай минберге профессор шықты. Ол қатты албырады. Ол я қайта тирилиў пайдасына гуўалықты, я өз өмири туўралы Джектиң айтып бергенин жоққа шығара алмады. Сол ўақытта ол елши Павелдиң масихыйлыққа күтилмегенде жүз бурыў тарийхына жабысып алды. Ол адамлардың гейде өзлери қарсы гүресетуғын нәрселерине қатты қызығатуғыны туўралы көп сөйледи». Бул жерде мениң достым күлимсиреди: — Бундай жағдайда сиз қатты абайлы болыўыңыз керек, болмаса сиз де масихый боласыз!.. Тарс қаласынанда жасаўшы Саул атлы жас яҳудий масихыйлардың қатты душпаны еди. Оның елши Павелге айналғанының тарийхы — бул масихыйлықтың пайдасына қатты тәсир етиўши гуўалықлардың бири. Саул диний искер, иудаизмге қатты берилген еди. Тарсдағы өмир оған адам илиминиң ең соңғы жетискенликлери менен танысыўға мүмкиншилик берди: бул өзиниң философлары ҳәм мәденияты менен белгили университет қаласы еди. Грек географы Страбон илим ҳәм философияға қызығыўшылығы ушын бул қаланы жоқары баҳалады. Павел, әкеси сыяқлы, рим пухарасы еди — бул сийрек артықмашылық еди. Көринип турғанындай, ол эллинистикалық мәденият ҳәм ой менен жақсы таныс болған. Ол грек тилинде жақсы сөйледи ҳәм диалектиканы пайдаланып билетуғынын көрсетти. Ол онша атақлы болмаған шайыр ҳәм философлардан цитата келтиретуғын еди. Елшилер 17:28 — «Себеби сизлердиң шайырларыңыздың гейбиреўлери: «Бизлер Оның урпағымыз», — деп айтқанындай (Арат, Клеанф), бизлер Ол арқалы жасаймыз, ҳәрекет етемиз ҳәм бармыз (Эпименид)»; Коринфлилерге жазылған 1-хат 15:23 — «Бирақ, ҳәр бири өз гезеги бойынша тириледи: ең алды менен Масих, соңынан Масих қайтып келгенде Оған тийисли болғанлар тириледи (Менандр)»; Титус 1:12 — «Ҳәтте, критлилердиң өз шайыры: «Критлилер бәрқулла өтирикшилер, жаўыз ҳайўанлар ҳәм жалқаў ашкөзлер болған», — деген еди (Эпименид)». Павел парисейлердиң қатаң доктрина мәдениятында яҳудийше илимди алды. Сол дәўирдиң күшли руўханийи деп есапланған Гамалиилде оқыў ушын оны шама менен он төрт жасында жиберди (ол Галиллейдиң ақлығы еди). Павелдиң өзи өзиниң парисей ҳәм парисейдиң улы екенин айтты (Елшилер 23:6). Ол өзиниң өтмиши менен мақтаныўға ҳуқықлы еди: «Яҳудий дининде өз миллетимдеги көп қатар-қурбыларымнан озып, ата-бабаларымыздың үрип-әдетлерин орынлаўға жан-тәним менен ғайрат салатуғын едим» (Галат 1:14). Павелдиң исенимге келгенин түсиниў ушын оның масихыйлыққа қарсы болғанының себебин түсиниў керек. Буның себеби оның яҳудий нызамына садықлығынан ибарат. Дәл усы садықлық оның Масих ҳәм ертедеги жәмәәттен бас тартыўының негизинде жатты. Жак Дюпонның сөзи бойынша, «масихыйлықта Павелди Ийсаның масихыйлық арналыўының тастыйықлаўы емес, ал… Ийсаға қутқарыўшы роли жазылғаны масқара қылды — бул қутқарыў нызамның ролин жоққа шығарды… Павел масихыйлық исенимге ең алды менен өзиниң қутқарылыўға жол — нызамда деген исениминиң себебинен усындай қарсы еди». «Британик» энциклопедиясы, өзин масихыйлар деп атайтуғын жаңа яҳудий диний топары Павелдиң яҳудийлик тәрбиясы ҳәм руўханийлик билиминиң негизине қатты тийип кетти. Оның баслы мақсети усы диний топарды жоқ қылыў болды (Галат 1:13). Ол олардың ҳәммесин жоқ қылыў ушын ҳәрекет етиўди баслады (Елшилер. 26:9–11). Ол «жәмәәтти дерлик босатты» (Елшилер. 8:3). Ал Саул Ийемиздиң шәкиртлерине еле өлим қәўпин туўдырып жүрди. Ол бас руўханийге барды да, Дамасктағы мәжилисханаларға хатлар жазып бериўин сорады. Сол жерде Ийсаның жолы менен жүрген еркек болсын, ҳаял болсын, тапса оларды услап, Ерусалимге алып келиў нийетинде еди. Ол жол жүрип Дамаскқа жақынлағанда, тосаттан аспаннан түскен бир нур оның әтирапын жарқыратып жиберди. Саул жерге жығылып: — Саул, Саул, сен неге Мени қуўдалап атырсаң? — деген даўысты еситти. Саул: — Сен кимсең, Ийем? — деп сорады. — Мен — сен қуўдалап атырған Ийсаман. Ал енди орныңнан турып, қалаға бар. Нени ислеў тийис екенлигиң саған айтылады, — деген даўыс еситилди. Саул менен киятырғанлардың тиллери тутылып, тоқтап қалды. Себеби олар даўысты еситсе де, ҳеш кимди көрмеген еди. Саул жерден турды. Бирақ көзлерин ашқанда, ҳеш нәрсе көре алмады. Сонлықтан олар оның қолынан услап, Дамаскқа жетеклеп апарды. Оның көзлери үш күн бойы көрмей қалып, ҳеш нәрсе ишип-жемеди. Дамаскта Ханания атлы Ийсаның шәкирти бар еди. Ийемиз оған көринип: — Ханания, — деди. — Усы жердемен, Ийем, — деп жуўап берди ол. Ийемиз оған: — Орныңнан тур да, «Туўры көше» деген көшеге барып, Яҳуданың үйиндеги Саул атлы бар тарсуслы адамды сора. Ол ҳәзир дуўа етип атыр. Ол өзине көрсетилген аянда жанына Ханания атлы бир адамның келип, көзлериниң қайтадан көриўи ушын үстине қолларын қойып дуўа еткенин көрген еди, — деди (Елшилер. 9:1–12). Келеси сөзлерден масихыйлардың не ушын Павелден қорққаны түсиникли болады. «Ханания жуўап берип: — Ийем! Бул адамның Сениң Ерусалимдеги мухаддеслериңе қанша жаманлық ислегенин мен көп адамлардан еситкен едим. Бул жерге де ол Сениң атыңа сыйынатуғынлардың ҳәммесин тутқынға алыў ушын, бас руўханийлерден бийлик алып келген, — деди. Ийемиз оған: — Бар! Өйткени Мен бул адамды атымды басқа миллетлерге, патшаларға ҳәм Израил улларына жеткизиў ушын таңладым. Мениң атым ушын қаншама азап шегетуғынын Өзим оған көрсетемен, — деди. Солай етип, Ханания барды да, сол үйге кирди ҳәм қолларын Саулдың үстине қойып: Туўысқаным, Саул! Саған киятырған жолыңда көринген Ийемиз Ийса көзлериңниң ашылып, Мухаддес Руўхқа толыўың ушын мени жиберди, — деди. Сол ўақытта-ақ көзлеринен перде түскендей болып, Саул және көре баслады. Ол орнынан турып, суўға шомылдырылды ҳәм аўқат жеп, күшке енди. Саул бир неше күн Дамасктағы шәкиртлердиң жанында қалды» (Елшилер. 9:13–19). Павел: «Мен Ийемиз Ийсаны көрмедим бе?» (Коринфлилерге жазылған 1-хат 9:1), — деп жазды. Ол Масихтың өзине келгенин — Масих қайта тирилиўден кейин дәрриў елшилерге көриниўин салыстырды: «Ал ең соңында, …маған да көринди» (Коринфлилерге жазылған 1-хат 15:8). Өйткени Павел Ийсаны әпиўайы көрмеди, ал бул көринис оның пүткил өмирин өзгертти. Ол Хош Хабарды өзиниң таңлаўы бойынша емес, ал зәрүрликтен жәриялады: «Деген менен, Хош Хабарды жәриялап атырғаным себепли мақтаныўға ҳақым жоқ. Себеби бул — мениң миннетли ўазыйпам. Хош Хабарды жәрияламасам, мен ҳәсирет шегемен!» (Коринфлилерге жазылған 1-хат 9:16). Павелдиң Ийса менен ушырасыўы ҳәм кейинги исенимге келиўи ол ушын улыўма күтилмегенде жүз берди: «…тосаттан аспаннан түскен бир жарық нур әтирапымды жарқыратып жиберди» (Елшилер. 22:6). Павел өзин аспаннан кимниң таң қаларлы даўысы шақырып атырғанын улыўма түсинбеген еди. Ҳәм даўыс өзиниң — Назаретли Ийса екенин айтқанында, ол усы бийликтен жеңилип, тыпыршылады. Бизлер Дамаск жолында Павел менен жүз берген ўақыяның барлық майда-шүйдесин билмесек те, бул ўақыя оның пүткил өмирин өзгерткенин анық билемиз. Ең алды менен, Павелдиң минези толық өзгерди. «Британик» энциклопедиясы оны исенимге келместен алдын сабырсыз, ғәзепленген, туўрыланбайтуғын диний фанат, жаман минезли менмен етип сүўретлейди. Исенимге келгеннен соң ол сабырлы, мийримли, қурбан етиўге таяр, нәписсиз болды. Кеннет Скотт Латуретт былай деп айтады: «Көз-қарасларды терең аўдарған диний кеширмелер Павелдиң өмирине таза мәнис берди, ол онша итибарды тартпайтуғын адамды тәсир етиўши ўазшыға айналдырды». Екиншиден, Саулдың Ийсаның шәкиртлерине деген қатнасы өзгерди. Ол бир неше күнди шәкиртлер менен Дамаск қаласында өткерди (Елшилер. 9:19). Ҳәм бизлер Павел шәкиртлерге барған ўақтында олар оған дослық қолын созғанын билемиз. Үшиншиден, Павелдиң көзқарасы өзгерди. Өзиниң яҳудий мийрасына деген сүйиспеншилигин жоғалтпастан, ол ғәзепленген душпаннан масихыйлық исенимниң батыр ўазшысына айналды. «Ол дәрҳал Ийсаның Қудайдың Улы екенлигин мәжилисханаларда жәриялай баслады» (Елшилер 9:20). Павелдиң ақылый исенимлери де өзгерди. Оның жеке тәжирийбеси, парисейлердиң масихыйлық пикирге деген қатаң қарсылығына қарамастан, Ийсаның Мессия екенин мойынлаўына оны мәжбүр қылды. Оның Масих ҳаққында жаңа көзқарасы оның дүнья қарасының толық өзгергенин аңлатады. Жак Дюпон, Павел «атанақ ағашқа шегеленген адамның Мессия болыўы мүмкинлигине қатты қарсы болғаннан кейин, ол Ийсаның ҳақыйқаттан Мессия екенине исенди ҳәм усы жаңа исенимниң нәтийжесинде оның барлық масихыйлық пикири өзгерди». Енди ол алдын өзине Қудайдың ғарғысы ҳәм адамның өмириниң аяўға ылайықлы жуўмағы болып көринген Масихтың атанақ ағаштағы өлиминиң ҳақыйқатында Қудайдың Масих арқалы дүнья менен жарасыў ўақыясы болғанын түсине алды. Павел, ақыр-ақыбет, Масихтың атанақ ағашта шегелениўи арқалы «бизлерди нәлеттен қутқарды» (Галат. 3:13) ҳәм «гүналарымыз Оған жүкленди» (Коринфлилерге жазылған 2-хат 5:21), деди. Масихтың өлими утылыс емес, ал уллы жеңис болды, өйткени ол қайта тирилиў менен жеңип шықты. Атанақ ағаш қудайдың масихыйлық гүнаның кеширилиўиниң негизи болып, «тосқынлық тасы» болмай қойды. Павелдиң елшилик ўазларын оның мына сөзлерине алып келиўге болады: «Масихтың азап шегип, өлимнен қайта тирилиўи тийис екенин түсиндирип, дәлиллер келтирди де: Мен сизлерге жәриялап атырған бул Ийса — Масих, — деди ол» (Елшилер 17:3). Төртиншиден, оның хызметиниң мәниси өзгерди. Яҳудий емеслерге толық ғәзеби бар адамнан ол елшиге айналды. Яҳудий исениминиң тәрепдарынан ол Хош Хабаршыға айналды. Яҳудий ҳәм парисей, Саул яҳудий емеслерге, оларда таңланған халыққа салыстырғанда төмен расаны көрип, жоқарыдан қарайтуғын еди. Дамаск қаласындағы ўақыя оны өмирин яҳудий емеслерге жәрдем бериў ушын арнаған, исенимли елшиге айналдырды. Өзине келген Масихта Павел пүткил халықтың Қутқарыўшысын көрди. Ўазыйпасы қатаң иудаизмди сақлап қалыў болған диншил парисейден ол өзи алдын қатты ғәзепленип қарсы гүрескен, сол масихыйлар деп аталған жаңа диний топардың жәриялаўшысына айналды. Ол соншелли қатты өзгергенликтен, «еситкенлердиң ҳәммеси таң қалысып: «Мынаў Ерусалимде усы Ийсаның атына сыйынатуғынларды қырған адам емес пе? Ол бул жерге де сондай адамларды тутқын етип, бас руўханийлерге апарыў ушын келген жоқ па еди?» — дести» (Елшилер 9:21). Тарийхшы Филипп Шафф «Павелдиң Қудайға жүз бурыўы — бул тек ғана оның өмириндеги өзгерген орын болып қоймастан, ол пүткил елшилик жәмәәтиниң тарийхында ҳәм адамзат тарийхында әҳмийетли дәўирди белгилейди. Бул ўақыя өзиниң ақыбетлери менен тек Елиўинши күн байрамындағы кәрамат пенен салыстырылыўы мүмкин. Ол масихыйлыққа дүнья жүзилик жеңисти тәмийинледи». Бир күни Хьюстон университетинде түски аўқатты жеп атырып, мен қандай да студенттиң қасында отырдым. Бизлер масихыйлық ҳаққында сөйлесип қалдық ҳәм ол масихыйлық ҳәм Масихтың Өзине ҳеш қандай тарийхый тастыйықлаўдың жоқ екенин айтты. Қәнийгелиги бойынша ол тарийхшы ҳәм мен оның китапларының арасында Рим тарийхы бойынша оқыўлық деген китапты көрдим. Ол онда елши Павел ҳәм масихыйлық туўралы баптың бар екенин мойынлады. Ол оны оқыды ҳәм бул баптың Тарс қаласындағы Саулдың өмири туўралы гүрриңнен басланып, елши Павелдиң өмирин сүўретлеў менен тамамланатуғынына таң қалды. Соңғыдан алдынғы қатарда аралықтағы ўақытта не болғаны түсиниксиз екени айтылған. Сол ўақытта мен Елшилердиң ислери китабын аштым ҳәм оған Масих Өзиниң қайта тирилиўинен кейин, Павелге көрингенин түсиндирдим. Бул Павелдиң масихыйлыққа жүз бурыўының исенимли түсиндирмеси екенине студент келисти. Кейинирек, оның өзи де Масихқа өзиниң Қутқарыўшысы сыпатында исенди. Элиас Эндрюс мыналарды айтады: «Усы «парисейден парисей» болып түптен өзгериўде көпшилик адамлар ол жүз бурған динниң ҳақыйқатлығының ҳәм күшиниң, Масихтың жеккелигиниң баҳалығы ҳәм роли менен тең исенимли дәлийлин тапты». Абердин университетиниң профессоры Арчибальд Мак-Брайд Павел туўралы былай деп жазды: Оның ислериниң қасында… Искендер Зулқарнайын ҳәм Наполеонның жеңислери бозарады». Клемент былай деп айтады: «Павел шынжырда жети мәрте қыйналды, Хош Хабарды Шығыс ҳәм Батыста жәриялады, Батыстағы океанның жағалаўларына шекем жетти ҳәм басшылардың қолынан азаплы өлим менен өлди». Павел тири ҳәм қайта тирилген Ийса оның өмирин өзгерткенин қайталаўдан шаршамады. Ол Масихтың өлимнен қайта тирилгенине исенгени соншелли, өзи де өзиниң исеними ушын азаплы өлим менен өлди». Оксфордтан еки профессор Гилберт Уэст ҳәм лорд Литтлтон өзлерине мынадай мақсет қойды: масихый исенимниң негизлерин жоқ қылыў. Уэст қайта тирилиў пикириниң өтирик екенин дәлиллеўди қәледи, ал Литтлтон тарслы Саулдың масихыйлыққа жүз бурмағанын көрсетпекши еди. Олардың екеўи де туўры қарама-қарсы жуўмаққа келди ҳәм Ийсаның исенимли шәкиртлери болды. Лорд Литтлтон былай деп жазады: «Павелдиң тек ғана бир Қудайға жүз бурыўы ҳәм елшилик хызмети итибарлы изертлеўши ушын масихыйлық. Бул Қудайдың Аяны екениниң жетерли дәлили болып табылады». Жуўмақлап ол, егер Павелдиң жигирма бес жыллық азапланыўы ҳәм оның Масихқа хызмети ҳақыйқаттан орынға ийе болған болса, онда оның масихыйлыққа жүз бурыўы, сөзсиз, сондай орынға ийе еди, өйткени, ол ислеген ҳәмме нәрсе усы күтилмеген өзгеристен басланды. Ал, егер ол масихыйлыққа ҳақыйқаттан жүз бурған болса, онда демек, Ийса Масих өлимнен қайта тирилди: өйткени Павел не айтқан ҳәм не ислеген болса, ол буны қайта тирилген Масихты көрген ўақты менен бәрҳа байланыстыратуғын еди. 8-бап. Масих қайта тирилди! Ҳақыйқаттан қайта тирилди! Бир күни Уругвайда бир студент маған сораў берди: — Профессор Мак-Дауэлл, не ушын сиз масихыйлықтан бас тарта алмайсыз? Сол ўақытта мен оған былай деп жуўап бердим: — Жалғыз бир себеп бойынша. Мен адамзат тарийхындағы бир ўақыяға, яғный, Ийса Масихтың қайта тирилиўине басқа ҳеш қандай түсиник таба алмайман. Мен 700 ден аслам саатты оның келип шығыўын жақсылап изертлеп, усы сораўды үйрениў ушын өткердим ҳәм мынадай шешимге келдим: Ийса Масихтың өлимнен қайта тирилиўи — бул я адамзатқа қашанлардур айтылған ең зулым, жаўыз ҳәм ҳийлели өтириктиң бири, я оның тарийхының ең әҳмийетли факты. Қайта тирилиў ҳаққында тартыс «Масихыйлық ҳақыйқый негизге ийе ме?» — деген сораўды ақылға салынған тараўдан тарийхый тараўға өткереди. Масихыйлықта тарийхый қабыллаўға болатуғын негиз бар ма? Қайта тирилиўге тийкарлы исениўимиз ушын бизлерде дәлиллер жетерли ме? Мине бул сораўға тән болған бир неше ҳақыйқатлар: Өзин Ески Келисимде алдын ала айтылған Масихпан деп айтқан яҳудий ўазшысы, Назаретли Ийса тутқынға алынды, сиясий жынаятшы сыпатында ҳүким етилди ҳәм атанақ ағашқа шегеленди. Оның өлиминен ҳәм қәбирге қойылыўынан үш күн өткеннен кейин, бир неше ҳаял қәбирге келип, денениң жоқ екенин көрди. Ийсаның шәкиртлери Қудай Оны өлилерден қайта тирилткенин ҳәм аспанға көтерилместен алдын Ол көп мәрте өзлерине көрингенин айтты. Усы негизде пайда болған масихыйлық пүткил Рим империясы бойлап тарқалды ҳәм көплеген әсирлер даўамында тарийхтың барысына тәсир көрсетти. Демек, сораў: Ийсаның өлимнен қайта тирилиўи ҳақыйқаттан болды ма? Ийсаның қәбирге қойылыўы Яҳудийлердиң жерлеў дәстүри бойынша Оны хош ийисли затлар менен кепинликке орады (Юхан 19:39–40). Жартаста ойылған жаңа қәбирге қойылғаннан кейин (Матта 27:60), аўзын жүдә үлкен (аўырлығы еки тонна шамасындағы) тас жабылды (Марк 16:4). Өзлериниң тәртиби менен белгили рим әскерлери аўзына қараўыллыққа қойылды. Қатаң жазаның алдындағы қорқыныш «әскерий ўазыйпаны жақсы орынлаў еди, әсиресе түнги гезекте». Сақшы қәбирдиң аўзын Римниң күши ҳәм бийлигиниң белгиси болған Римниң мөрин басты. Жартасты ылақтырып таслаўға ҳәрекет еткен қәлеген адам сөзсиз мөрге зыян келтирген ҳәм өзине нызамның ғәзебин алған болар еди. Ҳәм солай болса да қәбир бос болып шықты! Бос қәбир Ийсаның шәкиртлери Ол өлимнен қайта тирилди деп айтты. Олар көрингениниң «көплеген дәлиллер» менен бирге, қырық күн даўамында өзлерине көрингенин айтады (басқа аўдарма — «көплеген дурыс дәлиллер менен», Елшилер 1:3). Елши Павел, бир күни Ийса 500 ден артық изине ериўши адамлардың ортасында пайда болғанын айтқан еди. Сол ўақытта олардың көпшилиги еле тири еди ҳәм Павелдиң сөзлерин тастыйықлай алатуғын еди (Коринфлилерге жазылған 1-хат 15:3–8). А. М. Рамси былай деп жазады: «Мен қайта тирилиўге исенемен, атап-айтқанда, ол болмаса бир қатар фактлерди түсиндириў мүмкин емеслигиниң себебинен». Бос қәбир — «бул оннан бас тартыў ушын жүдә тартыслы факт». Пауль Альтхаус, «егер қәбирде денениң жоқ болыўы ҳәммеге белгили факт сыпатында орнатылмағанында, ҳеш ким бир күн де, бир саат та қайта тирилиў ҳаққында сөзлерге исенбеген болар еди», — деп айтады. Мине Пол Л. Майер келген жуўмақ: «Егер бизлер барлық бар болған гуўалықларды жақсылап ҳәм әдиллик пенен өлшесек, онда тарийхый изертлеўлердиң барлық қағыйдалары бойынша бизлер исенимли жуўмаққа келемиз: Ийсаны қойған қәбир сол таңда ҳақыйқаттан бос болып шыққан еди. Ҳәзирге шекем я әдебиятта, я эпиграфта, я археологияда бул шешимди жоққа шығаратуғын гуўалық табылмады». Онда бул бос қәбирди қалай түсиндириўге болады? Бәлким, қандай да тәбийғый себеп болған шығар? Бийкарлаўға болмайтуғын тарийхый дәлиллердиң тийкарында масихыйлар Қудайдан шығатуғын тәбияттан тыс күш Ийсаны ўақыт ҳәм барлықта денеде қайта тирилтти деп есаплайды. Әлбетте, кимниңдур буған исениўи қыйын. Бирақ буған исенбеў — оннан да қыйынырақ машқалаларды шешиўге дус болыўды аңлатады. Қайта тирилиўден кейинги қәбирдиң жағдайы үлкен әҳмийетке ийе. Рим мөри сындырылған — бул (оны сындырған адам ушын) сол ўақыттың өзинде басын төменге қаратып атанақ ағашқа шегелеп өлтириўди аңлататуғын еди. Үлкен жар тас тек ғана қозғалтып қойылмаған, ал көтерип алынып ҳәм айтарлықтай қашықлыққа алып барылғандай қәбирдиң аўзынан жылжытылған еди. Сақшылар қашып кетти. Тарийхшы Джастинниң жумысында қараўыл әскерди өлим жазасы күтетуғын сегиз қылмысы санап өтилген. Олардың арасында, егер қараўыл орнында уйықлап қалатуғын ямаса өз ерки менен орнын таслап кететуғын жағдай айтылған. Қәбирге ҳаяллар келди ҳәм оның бос екенин көрди. Олар қорқып кетти, олар изине қайтты ҳәм еркеклерди шақырды. Петр ҳәм Юхан қәбирге қарап жуўырып кетти. Юхан биринши жетип барды, бирақ ишине кириўге батына алмады. Ол ишке қарады, ол жерде денени сақлап туратуғын, бирақ бос турған кепинди көрди. Дене таза өмирди баслаў ушын оны таслап кетти. Туўры айтайық: бундай ўақыя кимди болса да аз-маз ўақытқа исениўши қылады. Қайта тирилиўдиң тәбийғый себеплерин түсиндиретуғын барлық теориялар жүдә исенимли емес: улыўма алғанда олар қайта тирилиўге исенимди тек беккемлейди. Басқа қәбир ме? Кирсопп Лейк жәриялайтуғын теория денениң жоқ екенин хабарлаған ҳаяллар қәбирден алжасқанын шамалайды. Бундай жағдайда олардың изинен жуўырып кеткен шәкиртлер де басқа қәбирге жуўырып барыўы керек еди. Бирақ бизлер қәде бойынша қәбирдиң аўзына сақшыларды қойдырған (денени урлап кетиўдиң алдын алыў ушын) яҳудий басшылары алжаспағанына исенимли бола аламыз. Сол жерде болған сақшылар да. Егер, ҳақыйқаттанда, шәкиртлер басқа қәбирге барып қалғанында, яҳудий басшылары ҳақыйқый қәбирден денени алып шыққан болар еди — ҳәм қайта тирилиў ҳаққындағы барлық сөзлер улыўма жоқ болған болар еди. Мақсетке ылайықлы түсиндирмениң басқа түри, қайта тирилиўден кейинги Масихтың көриниўи — бул әпиўайы елес деп тастыйықлайды. Бирақ бул болжаў көзге көринетуғын елеслерди басқаратуғын психологиялық нызамға қарсы турады; ол я тарийхый ўақыя, я елшилердиң руўхый жағдайы менен ҳеш туўра келмейди. Онда ҳақыйқый дене қай жерде еди ҳәм не ушын оны ҳеш ким көрмеди? Бийҳушлық теориясы Бул теория бир неше жүз жыл алдын Вентурияда кең тарқалды ҳәм ҳәзирге шекем ол туўралы жийи еске алады. Оның тәрепдарлары Ийса ҳақыйқатында өлмеди деп айтады: Ол шаршаў ҳәм қан жоғалтыўдан тек талып қалды. Ҳәмме ол қайтыс болды деп ойлады, бирақ кейин Ол өзине келди, ал шәкиртлери Ол өлимнен қайта тирилди деп шешти. Ҳеш нәрсеге исенбеўши Дэвид Фридрих Штраустың өзи қайта тирилиўге исенбейди. Бирақ «талып қалыў болжаўы» ҳаққында ол мынадай деп айтты: «Ҳәлсизликтен аяғында зорға турған, медициналық жәрдемге, байлаў, емлеўге мүтәж болған ҳәм денелик азаптың бийлигинде болған, шала жан ҳалында қәбирден урланған адам күтилмегенде өз шәкиртлерине өлимди жеңген, Өмирдиң Ийесиниң сезиминдей сезимди келтириўи мүмкин емес — өйткени дәл усы сезим олардың келешектеги ўазларының тийкары болды. Бундай қайта тирилиў жасағанында ҳәм өлиминде тәсир еткен сезимин тек ҳәлсиз қылыўы мүмкин еди. Ол қандай да муңлы дыбысты алып келиўи мүмкин еди, бирақ олардың Оған деген ҳүрметин диний сыйыныўға шекем көтериў менен тең олардың қайғысын руўхланыўшылыққа айналдыра алмайтуғын еди». Денени урлап кетти ме? Және бир теория бар: сақшылар уйықлап атырғанда шәкиртлери денени алып кетти (Матта 28:1–15). Шәкиртлердиң қапашылығы ҳәм қорқақлығы — усы теорияға қарсы күшли дәлил: сақшыларға билдирмей қәбирден денени урлап кетиў ушын олар күтилмегенде қалай сондай батыр ҳәм батыл болды? Олар усыған уқсаған нәрсени ислейтуғындай ҳалда емес еди. Дж. Н. Андерсон — өтмиште Лондон университетиниң юридикалық факультетиниң деканы, Шығыс ҳәм Африка Институтының шығыс нызамлары бөлиминиң баслығы, Лондон университетиниң қасындағы ҳуқық Институтының директоры. Ол Масихтың денесин шәкиртлери урлап кетти деген шамалаў туўралы мыналарды айтады: «Бул бизлердиң олар туўралы билетуғынларымыз бенен, олардың әдеп-икрамлық қағыйдалары, олардың өмириниң пүткил дүзилисине қарама-қарсы болар еди. Буннан тысқары, бул шамалаў олардың муңлы, үмитсиз қашқынлардан батырлығын ҳеш қандай азап сындыра алмайтуғын гуўаларға таң қаларлы айналыўына түсиник бермейди». Және бир теория: яҳудий ямаса рим басшылары қәбирден денени өзлери алып таслады. Бирақ ол денени шәкиртлери урлады дегенге қарағанда ҳеш исенимли емес. Егер басшылардың өзлери денени алып таслаған ямаса оның қай жерде екенин билгенлеринде, онда не ушын шәкиртлер Ийсаның қайта тирилгенин жәриялап жүрген ўақтында олар түсиндирме менен шығып сөйлемеди? Не ушын олар оның қай жерде екенин билмеди? Не ушын денени алып ҳәм оны арбаға салып, Ерусалимге алып келмеди? Бундай усыл масихыйлыққа бирден шек қойған болар еди. Доктор Джон Уорвик Монтгомери бул туўралы мыналарды айтады: «Биринши масихыйлардың усындай өтирикти ислеп шығарғанына ҳәм Ийсаның денесин көрсетип, оны жоққа шығарыўы мүмкин болған адамлардың арасында ўаз айтқанына исениў улыўма мүмкин емес». Қайта тирилиў Пайдасына гуўалық Белгили үш томлы Рим тарийхының авторы, Оксфордта жаңа тарийх кафедрасының хызметкери, профессор Томас Арнольд тарийхый фактлерди орнатыў ушын гуўалықлардың әҳмийетин жақсы түсинетуғын еди. Ол былай деп жазды: «Көп жыл мен басқа дәўирлердиң тарийхын үйрендим, усы дәўирлер ҳаққында жазған авторлардың гуўалықларын изертледим ҳәм салыстырдым. Мен туўры пикирли изертлеўшиниң көз алдында Қудай бизлерге өлип ҳәм өлимнен қайта тирилгенин көрсетиў ушын берген сол уллы белгиге қарағанда исенимлирек ямаса жеткиликли түрдеги гуўалықлар тастыйықланатуғын адамзат тарийхындағы басқа бир фактты билмеймен». Англичан илимпазы Брук Фесс Уэсткотт былай деп жазды: «Гуўалықлардың пүткил жыйындысының тийкарында, тарийхта ҳеш бир ўақыя Масихтың қайта тирилиўи сыяқлы усындай толық ҳәм көп түрли ҳүжжетлестирилмеген деп айтсақ, асырып айтқан болмаймыз. Ҳәм тек оның өтирик екенине бурын келип шыққан тәжирийбеден ғәрезсиз изертлеўшини бар болған дәлиллерди толық емес деп есаплаўға мәжбүр етиўи мүмкин». Доктор Саймон Гринлиф атақлы Америка юристлериниң бири болған. Ол Гарвард университетинде юстиция бойынша атақлы Патшалық профессор болды; ол сол университетте Скандинавия ҳуқықы профессоры орнындағы судья Джозеф Сторидиң орнында болды. Бул Г. Ноттстың атақлы «Америка өмир баянының сөзлиги» атлы китабында ол туўралы мыналарды жазады: «Өзиниң буған шекем усыған уқсаған Америка қурама Штатларындағы оқыў орынларының арасында жоқары орынға көтерилиўине Гарвард атлы юридик институты Стори ҳәм Гринлифтиң күш салыўына миннетли». Гарвардта ҳуқық профессоры болған Гринлиф Масихтың қайта тирилиўи ҳаққында елшилердиң көрсетпелериниң юридикалық баҳалығына арналған китапты жазды. Ийса ҳақыйқаттан өлимнен қайта тирилмегенде ҳәм егер бул факт оларға басқа фактлер сыяқлы жақсы белгили болмағанында, өзлери жәриялаған ҳақыйқатты усындай қатты жақлайтуғын еди ме, деген шамалаўды шығарып таслайды». Гринлиф Масихтың қайта тирилиўи — бул, егер әпиўайы судларда ҳәрекет ететуғын юридикалық гуўалықларды баҳалаў қағыйдасынан шықса, тарийхтағы ең гүмансыз ўақыялардың бири деген жуўмаққа келди. Басқа юрист Франк Морисон қайта тирилиў туўралы гуўалықларды жоққа шығарыўды шешти. Ол Ийсаның қашанлардур адамға берилген ең әжайып өмирди жасағанына қарсы болмады. Бирақ гәп қайта тирилиў ҳаққында болғанда, ол — әпсана, буның нәтийжесинде кимдур Ийсаның ҳақыйқый тарийхын «безеген» деп ойлады. Ол Ийсаның өмириниң соңғы бир неше күни туўралы ўақыяны жазыўды қәледи. Сол жерде қайта тирилиў ҳаққында улыўма еслетпекши емес еди. Ол Ийсаның өмир баянына мақсетке муўапық ҳәм ақыллы жантасыў күн тәртибинен қайта тирилиў ҳаққында сораўды әпиўайы алып таслайтуғынына исенимли еди. Бирақ тәжирийбели юристтиң көз-қарасы бойынша ол барлық фактлер менен танысып шыққанынан кейин, өз пикирин өзгертти. Ол «Тасты ким жылжытты?» атлы шаўқымлы китапты жазыўы менен тамамлады. Биринши бап «Жазылыўды қәлемеген китап» деп аталды, ал қалған бапларда ол Масихтың қайта тирилиў пайдасына гуўалықлардың тәрепин алды. Джордж Элдон Лэдд мынадай жуўмаққа келди: «Усы барлық тәбийғый фактлерге жалғыз мақсетке ылайықлы түсиндирме Қудай Ийсаны денеде қайта тирилтиўинен ибарат». Ҳәзирги күнде Ийса Масихқа исенетуғын адам өз исениминиң әпсана ҳәм қыялға емес, ал: Масих өлимнен қайта тирилди ҳәм қәбир бос еди деген қатты орнатылған тарийхый фактке негизленгенине биринши масихыйлар исенимли болғанындай 100 пайызға исенимли бола алады. Ҳәм ең баслысы, қәлеген исенимге келген адам ҳәзирги күнде жеке тәжирийбесинде қайта тирилген Масихтың күшин сезе алады. Ең алды менен ол өзиниң барлық гүналары кеширилгенин биледи (Коринфлилерге жазылған 1-хат 15:3). Екиншиден, оған мәңгилик өмир ҳәм қайта тирилиў тәмийинленген (Коринфлилерге жазылған 1-хат 15:19–26). Үшиншиден, ол мәниссиз ҳәм бос өмирдиң искенжесинен шығып, Ийса Масихта жаңа адам бола алады (Юхан 10:10); Коринфлилерге жазылған 2-хат 5:17). Бул туўралы сиз не ойлайсыз? Сиз қандай шешим қабыл етесиз? Бос қәбир туўралы сиз не ойлайсыз? Англияның жоқары судьясы болған лорд Дарлинг юристтиң көзқарасы бойынша бар болған барлық мағлыўматларды үйренип шығып, мынадай жуўмаққа келди: «Бизлерде сонша жақсы ҳәм жаман, туўры ҳәм қыя даўсыз гуўалықлар болғанлықтан, қәлеген дурыс пикирлеўши судта тек бир нәрсе бола алады: қайта тирилиў ҳаққында ўақыя — ҳақыйқат». Масих қайта тирилди. Ҳақыйқаттан қайта тирилди! 9-бап. Бул жерде ҳақыйқый Мессия ким? Қолларыңызды көтериң! Ийса Өзиниң — Мессия, Қудайдың Улы екенин тастыйықлайтуғын түрли дәлиллерге ийе еди. Бул бапта бизлер олардың тек биреўи менен шуғылланамыз, бул — Оның өмиринде орынланған пайғамбаршылықлар. Сәўбетлесиўшилерине Өзиниң — Мессия екенин көрсетиў ушын Ийсаның Өзи Ески Келисимдеги пайғамбаршылықлар туўралы бәрҳа еслететуғын еди. Мине Галатиялыларға жазылған хат (4:4–5): «Бирақ ўақты келгенде, Қудай Өз Улын жиберди. Ол Мухаддес Нызамның қулы болғанлардың қутқарылыўы ушын ҳәм бизлердиң Қудайдың балалары болыўымыз ушын ҳаялдан туўылып, Мухаддес Нызамға бойсынып жасады». Бул — Ийса Масихта пайғамбаршылықлардың орынлағанына көрсетпе. «Соңынан, Муўсаның ҳәм барлық пайғамбарлардың Жазыўларынан баслап, Мухаддес Жазыўлардың ҳәммесинде Өзи ҳаққында айтылғанларды оларға түсиндирип берди» (Лука 24:27). «Сонда Ийса оларға былай деди: Сизлер менен бирге боғланымда, Мен туўралы Муўсаның Нызамында, пайғамбарлардың Жазыўларында ҳәм Забурда жазылғанлардың ҳәммеси орынланыўы тийис, деп айтқан едим» (сол жерде, 44-аят). Ол: «Муўсаға исенгениңизде, Маған да исенер едиңлер. Өйткени ол Мен туўралы жазған еди», — деп айтты (Юхан 5:46). Ҳәм және: «Бабаңыз Ибрайым Мениң келетуғын күнимди көретуғынына қуўанды ҳәм көрип шадланды» (Юхан 8:56). Елшилер (солардың қатарында Жаңа Келисимди жазғанлар да) Ийсаның ҳақыйқаттан Қудайдың Улы, Мессия ҳәм Қутқарыўшы екенин дәлиллеў керек болған ўақытта бәрҳа орынланған пайғамбаршылықларды көрсететуғын еди. «Бирақ барлық пайғамбарлар арқалы Өз Масихының азап шегетуғынын алдын ала билдирген Қудай Өз сөзин усылай әмелге асырды» (Елшилер. 3:18). «Павел өз әдети бойынша мәжилисханаға барды. Үш ҳәпте олар менен Мухаддес Жазыўларды (яғный, Жаңа Келисим китапларын) талқылады. Масихтың азап шегип, өлимнен қайта тирилиўи тийис екенин түсиндирип, дәлиллер келтирди де: Мен сизлерге жәриялап атырған бул Ийса — Масих, — деди ол» (Елшилер. 17:2–3). «Өзим алған ең әҳмийетли нәрсени мен сизлерге жеткизген едим. Яғный, Мухаддес Жазыўлар бойынша Масих бизлердиң гүналарымыз ушын өлди. Және де, Мухаддес Жазыўлар бойынша, Ол қәбирге қойылды ҳәм үшинши күни өлимнен қайта тирилди» (Коринфлилерге жазылған 1-хат 15:3–4). Ески Келисимде баслы пайғамбаршылықлардың шама менен алпысы бар ҳәм шама менен 270 анықлама бир адамда: Ийса Масихта орынланды. Масихта орынланған усы барлық пайғамбаршылықларды Оның «паспорты» сыпатында көрип шығыўға болады. Бәлким, сиз өзиңиздиң паспортыңыздың анық мағлыўматлары қандай әҳмийетке ийе екенин ҳеш қашан ойланбаған шығарсыз — әлемде жасап атырған төрт миллиард адамнан сизди дәл усы майда-шүйделер ажыратып турады. Тарийхый «паспорт» Қудай өтмиште, ҳәзир ҳәм келешекте қашанлардур жасаған барлық адамлардан Өзиниң Улын, Мессияны, адамзаттың Қутқарыўшысын ажыратып туратуғын белгилерди тарийхқа жақсылап жазды. Бул белгилер туўралы Ески Келисимде жазылған. Бул ҳүжжет 1000 жыл даўамында жаратылды ҳәм ол Оның келиўине 300 ден көп көрсетпеден ибарат. Мүмкиншилик теориясы бойынша 10^157 ден тек бары-жоғы бир имканият бар, усындай пайғамбаршылықтың қырық сегизи де бир адамда орынлана алады. Қудай берген көрсетпелер бойынша адамды анықлаў ўазыйпасы Мессияға қатнаслы пайғамбаршылықтың, Ол адамларға барыўынан 400 жыл алдын болғаны менен қыйынласады. Әлбетте, бул жерде айырым адамлар бул пайғамбаршылықлар Масихтан кейин жазылған ҳәм Оның өмири менен туўра келетуғындай етип исленген деп қарсы шығыўы мүмкин. Бул қарсылық бир қарағанда, егер б.э.ш. 150–200-жылларда Ески Келисимниң ески яҳудий текстиниң грек тилине аўдарылғанын билмесе негизли болып көриниўи мүмкин. Бул грекше аўдарма усы пайғамбаршылықлардың жазылыў ўақты олардың Масихта орынланыў ўақты менен еки әсир шамасында қашықлықта екенин дәлиллейди. Солай екен, тек ҳақыйқый Мессия Қудайдың берген белгилерине туўра келе алатуғын еди. Адамлар оларды яҳудий Мессиясы деп айтқан шама менен қырық ўақыя белгили. Бирақ олардың тек биреўи — Ийса Масих — орынланған пайғамбаршылықларға сүйенди ҳәм тек оның жағдайында дәлиллер исенимли болды. Демек, бул қандай анықламалар? Қандай ўақыялар Қудайдың Улының келиўи менен туўра келиўи керек еди? Ең алды менен бизлер Жаратылыс китабына қайтыўымыз керек (3:15). Бул — биринши масихыйлық пайғамбаршылық. Пүткил Мухаддес Жазыўда тек бир адам «ҳаялдың урпағынан» туўылады — қалғанлары еркектиң урпағынан туўылады. Бул жерде дүньяға келип, Шайтанның ислерин жоқ қылатуғын адам ҳаққында айтылып атыр («сениң басыңды езеди»). Жаратылыс китабында (9 ҳәм 10-баплар) Қудай белгилерди анықластырады. Нухтың үш улы болды: Сем, Хам ҳәм Яфет. Ҳәзир бар болған халықлардың қәлегени үш ағалы-инилиниң биреўинен келип шығады. Бирақ Өзиниң усы сөзи менен Қудай негизинен Мессияның екинши үшинши халықтан туўылыў мүмкинлигин алып таслайды. Мессия тек Семниң урпағынан келеди. Кейин б.э.ш. 2000-жыл жақынласқанда, бизлер Қудай халдейлердиң Ур қаласынан Ибрайым атлы адамды шақырғанын көремиз. Ибрайым менен сөйлескенде Қудай Мессия олардың әўладынан болатуғынын анық айтады (Жарат. 12, 17, 22). Жердеги барлық шаңарақлар Ибрайым арқалы жарылқанады. Ибрайымнан Ысақ ҳәм Исмайыл туўылған ўақтында Қудай екинши улы Ысақты таңлап алды (Жарат. 17, 21). Ысақтың еки улы болды: Яқып ҳәм Исаб. Ҳәм Қудай Яқыптың әўладын таңлап алды (Жарат. 28, 35:10–12; Санлар 24:17). Яқыптың он еки улы болды ҳәм олардан Израилдың он еки урпағы шықты. Қудай израилдың он еки урпағының он биринен бас тартты ҳәм Яхуданың урпағын айырды. Яхуданың барлық урпағынан Қудайдың таңлаўы тек Ишайдан шығатуғын шақаға түсти (Ийшая 11:1–5). Орталық қысқарып атыр… Есейдиң сегиз улы болды. Бирақ Патшалар ҳаққында екинши китапта (7:12–16) ҳәм Еремияның китабында (23:5) Қудай Ишайдың жетеўинен бас тартады: бизлер Қудайдың Елшиси тек ғана ҳаялдың урпағынан, тек ғана Семниң урпағынан, тек ғана яҳудийден, тек ғана Ысақтың, Яқыптың, Яхуданың урпағынан емес, ал сондай-ақ — Ол Даўыттың үйинен болады. Б.э.ш. 1012-жылға сәнеленген пайғамбаршылық (Забур 21:7–19; Захария 12:10; Галат 3:13-аят пенен салыстыр) усы Елшиниң қол ҳәм аяқларына шеге қағылады деп айтады (яғный, атанақ ағашқа шегеленгенде болатуғыны сыяқлы). Бул сүўретлеме (римлилер) усындай түрдеги ҳүкимди киргизбестен 800 жыл алдын исленди. Ийшая (7:14) Ол пәк қыздан туўылады деп қосады: тәбийғый емес урықланыўдан тәбийғый толғақлар — бул инсаныйлық мүмкиншилик ҳәм гүзетиўдиң шегинен шығатуғын нәрсе. Ийшаядағы (8:14; 28:16; 49:6; 50:6; 52:13; 60:3) ҳәм Забурдағы (21:8; 9; 117:22) бир неше пайғамбаршылықлар Қудайдың елшисин күтип турған жәмийетлик шараятты ҳәм тәсирди сүўретлейди: Оның Өз халқы, яғный, яҳудийлер, Оннан бас тартады, ал яҳудий емеслер Оған исенеди. Оннан алдын Ийемиздиң жолын таярлайтуғын (Ийшая 40:3; Малах. 3:1), — «Шөл далада бақырған биреў» — Шомылдырыўшы Яқыя келеди. Отыз гүмис теңге Сондай-ақ, болатуғын нәрсени анықластыратуғын пайғамбаршылықлардағы жети түсиндирмени айтып өтиў керек (Захария 11:11–13; Забур 40; Еремия 32:6–15 ҳәм Матта 27:3–10). Қудай Мессияға 1) сатқынлық қылынады, 2) досты сатқынлық қылады, 3) отыз гүмис теңгеге, 4) теңгелер гүмистен болады, 5) олар жерге тасланады, 6) ибадатхананың, 7) ҳәм оларға гүлалшының егислик жерин сатып алады, — деп көрсетеди. Михей 5:2-аятта жердеги барлық қалалардан Қудай, 1000 адамнан аз турғыны бар Вифлеем қаласын Мессияның туўылатуғын жери сыпатында таңлағаны айтылады. Кейин, қатар пайғамбаршылықларда ол Өз Елшиси келетуғын ўақытты көрсетеди. Мысалы ушын, Малахия 3:1-аятта ҳәм Ески Келисимниң басқа төрт жеринде Мессия Ерусалимниң ибадатханасы еле турған ўақтында келиўи кереклиги айтылған. Бул пайғамбаршылық үлкен әҳмийетке ийе, өйткени бул ибадатхана б.э. 70-жылы бузылды ҳәм ҳәзирге шекем қайта тикленбеген. Анық генеалогия, туўылыў ўақты, орны ҳәм усылы, адамлардың тәсири, сатқынлық, ҳүкимниң түри… Буның ҳәммеси — Қудайдың Улы, Мессия, адамзаттың Қутқарыўшысын билиўге болатуғын «паспорт»ты қурайтуғын сол жүзлеген анықламаның тек азғантай бөлеги. Бәлким, бул әпиўайы туўра келиў шығар? «Бул пайғамбаршылықлар Дж. Кеннеди, М. Л. Кинге, Г. А. Насере ҳ.т.б. аз-аздан орынланды», — деп жуўап береди критик. Аўа, бәлким, баслы пайғамбаршылықлардың барлық алпысы ҳәм 270 анықламалар емес, ал өмиринде бир неше пайғамбаршылық орынланған еки ямаса үш адамды табыўға болатуғын шығар. Айтқандай, егер сиз, Ийсадан басқа, Фред Джон Мелдаудың «Жаңа ҳәм Ески Келисимдеги Мессия» атлы китапта санап өтилген Мессия ҳаққында пайғамбаршылықлардың тек ярымы өмиринде орынланған, ҳәзир жасап атырған ямаса қайтыс болған биреўди таба алсаңыз, онда «Крисчиан Виктории Паблишинг Компании» атлы Америка баспаханасы (Колорадо штаты, Денвер қаласы) сизге 1000 доллар төлеўге таяр. Питер Стонердиң «Илим айтады» атлы китабының алғы сөзинде Америка Илимий жәмийетиниң хаткери Х. Харольд Харцлер былай деп жазады: «„Илим айтады“ атлы китаптың қол жазбасын Америка Илимий жәмийетиниң, сондай-ақ усы жәмийеттиң Орынлаўшы комитетиниң ағзаларын қурайтуғын комитет жақсылап үйренип шықты. Еки комитеттиң ағзалары да китап улыўма исенерли ҳәм онда бар болған илимий мағлыўматлар анық деген жуўмаққа келди. Онда бар болған математикалық анализ ҳеш қандай қарсылық келтирмейтуғын, мүмкиншилик теориясының қағыйдаларына тийкарланған; профессор Стонер бул қағыйдаларды исенимли түрде қолланды». Төменде келтирилген мүмкиншиликлер мысалын бизлер мүмкиншиликлер теориясы бул жағдайда туўры келиў мүмкиншилигин шығарып таслайтуғынын көрсетиў ушын усы китаптан алдық. Стонер сегиз пайғамбаршылыққа мүмкиншиликлер теориясының заманагөй усылларын қолланып, бизлер нәтийжеде төмендегилерди алатуғынымызды айтады: «қандай да адам бүгинги күнге шекем жасап ҳәм усы сегиз пайғамбаршылықты орынлаўының мүмкиншилиги 1/10^17-ге тек». Бул — 100 000 000 000 000 000 — тен биреўи дегенди билдиреди. Усы сумманы көз алдымызға келтириўимизге жәрдем бериў ушын Стонер мынадай мысалды береди: «айтайық, бизлер 10^17 гүмис долларды аламыз ҳәм оларды Техастың территориясы бойынша қоямыз. Олар өзи менен пүткил штатты 60 см қатламды жабады. Енди бизлер усындай доллардың биреўин белгилеймиз, кейин барлық теңгелерди пүткил территория бойынша араластырамыз. Буннан кейин бизлер қандай да адамның көзин байлаймыз ҳәм оған қәлеген бағытта қозғала алатуғынын, усы гүмис долларды табыўы керек екенин ҳәм дәл сол екенин айтыўы керелитин айтамыз. Белги қойылған долларды табыўына мүмкиншилик қандай? Онда әўметке қанша имканият бар? Мине, егер авторлар усы сегиз пайғамбаршылықты тек өзлериниң жеке көзқараслары бойынша жазған болса, онда бул пайғамбаршылықларда олар жазылыў ўақтынан баслап ҳәзирги күнге шекем бир адамда орынланыў имканияты дәл сонша болады. Демек: бул пайғамбаршылықлар я Қудайдың аяны болды, я пайғамбарлар оларды ўақыя барысы ҳаққында өзлериниң көзқарасынан келип шығып жазған. Бундай жағдайда олардың орынланыў мүмкиншилиги 1-ге 10^17 болды ҳәм солай болса да олардың ҳәммеси Масихта орынланды. Усылай етип, барлық сегиз пайғамбаршылықтың орынланыўының әпиўайы факты олардың толық болыўы ушын анық тек 1/10^17 жетпейтуғын Қудайдың руўхландырыўы бойынша жазылғанының дәлили болып табылады». Және бир қарсылық Бул қарсылық Ийсаның Ески Келисимниң пайғамбаршылығын билип турып орынлаўға ҳәрекет еткенинен ибарат. Ол исенимли болып көринеди, бирақ тек биринши қарағанда. Гәп пайғамбаршылық сөзлеринде жазылғанындай, Мессияның келиўиниң көплеген майда-шүйдеси инсанлық басқарыўға улыўма берилмейтуғынында. Мысалы ушын, туўылатуғын жери. Ийсаның Мариямның қарнында, ешектиң үстинде: «Анажаным, бизлер үлгеремиз», — деп айтып атырғанын көз алдымызға келтириўге бола ма? Ҳирод бас руўханийлер ҳәм диний муғаллимлерден: «Масих қай жерде туўылыўы керек?» — деп сорағанында, оған: «Яҳудиядағы Бейтлеҳемде. Себеби пайғамбар арқалы усылай жазылған», — деп жуўап берди (Матта 2:5). Оның келетуғын ўақты. Туўылыў усылы. Яҳуданың сатқынлығы ҳәм усы сатқынлықтың баҳасы. Жазаның түри. Адамлардың тәсири: масқаралаў, түкириў, таң қалыў. Оның кийими ушын шек таслағаны; оның кийимин жыртпағаны ҳ.т.б. Пайғамбаршылықлардың ярымы олардың жүзеге асыўына ҳеш тәсир ете алмайтуғындай еди. Ол Өзиниң ерки бойынша «ҳаялдың урпағынан», Сем ҳәм Ибрайымның ҳ.т.б. урпағынан туўыла алмайтуғын еди. Соның ушын Ийса ҳәм елшилер орынланған пайғамбаршылықларды Оның — Мессия екенине дәлил сыпатында пайдаланғаны таң қаларлы емес. Бундай қыйыншылықлар Қудайға неге керек еди? Мен адамларға келген ўақтында Ийса Масихта барлық дәлиллер бар болыўын Ол қәлеген деп ойлайман. Бирақ ең әҳмийетлиси — Ийса Масих адамзаттың өмирин өзгертиў ушын келди. Оның келиўи ҳаққында Ески Келисимде айтылған жүзлеген пайғамбаршылықлар тек Онда орынланды. Ҳәм тек Ол уллы пайғамбаршылықты, яғный Оны қабыл еткенлер ушын — жаңа өмир ўәдесин орынлай алады: «Ҳәм сизлерге таза жүрек ҳәм таза руўх беремен… Солай етип, ким де ким Масих пенен байланысқа ийе болса, ол — жаңа жаратылыс. Ески нәрселер өтип кетти, минекей, енди ҳәммеси жаңа болды» (Езекиел 36:25–27; Коринфлилерге жазылған 2-хат 5:17). 10-бап. Басқа ҳеш қандай жол жоқ па? Жақында Техас университетинде бир студент маған мынадай сораў берди: — Не ушын Ийса — Қудайға баратуғын жалғыз жол? Буннан алдын мен Ийсаның Өзиниң Қудайға баратуғын жалғыз жол екенин айтқанын, елшилердиң Мухаддес Жазыўдағы гуўалықлары исенимли екенин ҳәм Ийсаға Қутқарыўшы ҳәм Қудай сыпатында исениў ушын бизлерде дәлиллер жетерли екенин айтып бердим. Ҳәм буның ҳәммесинен кейин: «Не ушын Ийса? Қудайға баратуғын басқа жол жоқ па? Будда не? Мухаммед не? Адам тек әдил өмирди сүриўи жетерли емес пе? Егер Қудай сүйиспеншиликке сондай толы болса, онда Ол адамларды қандай болса, сондай етип қабыл етиўди қәлемей ме?» — деген сораў берилди. Маған мыналарды еситиўиме туўра келди: — Яқшы, сиз Ийса Масих — Қудайдың Улы екенин дәлилледиңиз. Бирақ, Ийсадан басқа Қудайға жол жоқ па? Усы еки тәсир де бизлердиң заманласларымызға тән. Меннен көбинесе, не ушын адам Қудайға жақынласыўы ҳәм гүналарға кеширим алыўы ушын Ийсаға Масихқа Ийемиз сыпатында исениўимиз кереклигин сорайды. Мен бул студенке көплеген адамлар Қудайдың тәбиятын түсинбейтуғынын айтып, жуўап бердим. Әдетте адамлар: «Сүйиўши Қудай адамның дозаққа барыўына қалай жол қоя алады?» — деген сораўды қояды. Мен: «Мухаддес, әдил ҳәм ҳақ Қудай қалай Өзине гүнакарды жибере алады?» — деп сораған болар едим. Бәлким, Қудайдың тәбияты ҳәм минезин түсиниў көп мәрте шексиз теологиялық ҳәм әдеп-икрамлылық машқалалардың негизинде жатты. Көплеген адамлар Қудайдың — сүйиспеншиликли екенин түсинеди. Бирақ олар усы нәрседе тоқтап қалады. Гәп Қудай — тек ғана сүйиспеншиликли Қудай емеслигинде. Ол соның менен бирге ҳақ, әдил ҳәм мухаддес Қудай. Негизинен, бизлер Қудайды Оның қәсийетлери арқалы билемиз. Бирақ қәсийет Қудайдың бөлеги емес. Қашанлардур мен, егер Қудайдың барлық қәсийетлерин алсақ: мухаддеслик, сүйиспеншилик, әдиллик, ҳақлық — ҳәм оларды қоссақ, онда шыққан сумма Қудай болады деп ойладым. Бул натуўры. Қәсийет Қудайдың бөлеги емес; бул — Қудайға тән нәрсе. Мысалы ушын, бизлер: «Қудай — сүйиспеншилик», — деп айтқанымызда, бизлер сүйиспеншилик — бул Қудайдың бөлеги дегенди нәзерде тутпаймыз. Бизлер сүйиспеншилик — бул Қудайға тән қәсийет дегенди нәзерде тутамыз. Қудай сүйген ўақытта, бул Оның тек тәбийғый көриниси. Адамзаттың гүна ислегениниң нәтийжесинде пайда болған машқала бар. Өтмиштиң мәңгилигинде Қудай еркек ҳәм ҳаялды жаратыўды шешти. Мен Мухаддес Китапта еркек ҳәм ҳаялды, олар менен сүйиспеншилик ҳәм даңқты бөлисиў ушын жаратқанына көрсетпени таптым. Бирақ Адам-ата ҳәм Ҳаўа-ене гүна ислеп, өз жолы менен кеткен ўақтында адамзат гүнаны билди. Усы ўақыттан баслап адамлар гүнакар болды, яғный Қудайдан узақласты. Қудай жүдә аўыр жағдайда болды. Ол еркек ҳәм ҳаялды Өзи менен бирге даңқын бөлисиўи ушын жаратты, ал олар Оның мәсләҳәти ҳәм буйрығына қулақ аспады ҳәм гүнаның жолын таңлады. Ол оларды қутқарыў ушын оларға сүйиспеншилик пенен қатнаста болды. Бирақ Ол тек ғана сүйиспеншиликли емес, ал мухаддес, әдил ҳәм ҳақ Қудай екен, онда Оның тәбиятының өзи қәлеген гүналарды жоқ қылыўды талап етеди. Мухаддес Китапта: «Гүнаның төлеми — өлим», — деп айтылған. Солай екен, егер усылай айтыў мүмкин болса, Қудайдың алдында машқала пайда болды. Мине Мухаддес Үшбирлик — Қудай Әке, Қудай Ул ҳәм Қудай Мухаддес Руўх — шешим қабыл етеди: Ийса, Қудай Ул, адамға айналды. Ол Қудай адам болады. Бул Юхан жазған Хош Хабарда сүўретленген (Юхан 1:14): «Сөз адам болып арамызда жасады». Ал Филиплилерге жазылған хатта (2:7), Ийса Масих… «…Өз уллылығынан ўаз кешип, қул келбетин қабыллады. Ол адам болып туўылып, адам көринисинде келди», — деп айтылған. Ийса Қудай-адам болды. Ол ҳеш қашан Қудай болмағандай адам болды ҳәм ҳеш қашан адам болмағандай қудай болды. Өз таңлаўы бойынша Ол Әкесине толық бойсынып, гүнасыз өмирде жасады. Мухаддес Китаптағы «Гүнаның төлеми — өлим», — деген сөз Оған қатнаслы емес. Ол тек ғана әпиўайы адам ҳәм өлмейтуғын Қудай болғанлықтан, Оның Өзине дүньяның гүналарын алыўға шексиз мүмкиншилиги болды. Ол дерлик 2000 жыл алдын атанақ ағашқа көтерилгенинде, Қудайдың мухаддес, әдил ҳәм ҳақ ғәзеби Оның Улына төгилди. Ҳәм Ийса: «Орынланды!» — деп айтты. Қудайдың әдиллиги ҳәм ҳақлығы толығы менен қанаатландырарлы. Белгили мәнисте, Ийсаның өлими Қудайға гүнакарларды жоқ қылыў кереклигин сезбей, адамзатқа сүйиспеншилик пенен қараўға еркинлигин қайтарды, себеби Ийсаның атанақ ағаштағы өлими арқалы Қудайдың ҳақлығы қанаатландырылды. Мен көбинесе адамларға: «Ийса ким ушын өлди?» — деген сораўды беремен. Әдетте маған: «Мен ушын» ямаса «Адамзат ушын», — деп жуўап береди. Ал мен: «Аўа, буның ҳәммеси туўры, бирақ және ким ушын?» — деп айтаман. Сол ўақытта мен: «Қудай Әке ушын», — деп жуўап беремен. Түсинесиз бе, Масих тек ғана бизлер ушын емес, ал Әке ушын да өлди. Бул туўралы Римлилерге жазылған хаттың үшинши бабында айтылады: «Мийримли қурбанлық», яғный, талапларды қанаатландырыў. Ийса атанақ ағашта өлген ўақытта, Ол тек ғана бизлер ушын өлмеди; Ол Қудайдың тәбиятының мухаддес ҳәм әдил талапларын қанаатландырыў ушын өлди. Бир неше жыл алдын Калифорнияда, Ийсаның өлими Қудайдың алдында турған машқаланы: адамзаттың гүнасына қалай тәсир етиўди қалай шешкенин түсиниўге жәрдем беретуғын ўақыя жүз берди. Полиция рульде тезликте асырғаны ушын жас ҳаялды тоқтатты. Оған қарсы жынаят ис ашылды; судта судья ол өзин айыплыман деп мойынлайтуғынын ямаса мойынламайтуғынын сорады. Ол айыбын мойнына алды. Судья өзиниң шөккишин урды ҳәм оған 100 доллар жәрима салды ямаса 10 күнлик қамақта болыўды белгиледи. Кейин күтилмеген ўақыя жүз берди. Судья столдан турды, сырттан кийетуғын плащ сыяқлы узын шапанын шешти де, айыпланыўшы турған қорғаннан айналып өтти ҳәм жәриманы өзи төледи. Не жүз берди? Судья бул ҳаялдың әкеси еди. Ол өз қызын жақсы көретуғын еди, бирақ ол әдил судья еди. Оның қызы нызамды бузды ҳәм ол оған: «Мен сени қатты сүйгенликтен, сени кеширемен. Сен азатсаң», — деп айта алмады. «Егер ол буны ислегенинде, онда жаман судья болған болар еди. Ол нызамның бузылғанына бийпарўа болған болар еди. Бирақ ол оны сондай сүйгенликтен, судьяның сырттан кийетуғын плащ сыяқлы узын шапанын шешти, өз орнын таслап, әке сыпатында ол ушын жәрийманы төледи. Бул ўақыя қандай да мәнисте Қудайдың Ийса Масих арқалы бизлер ушын не ислегенин түсиниўимизге жәрдем береди. Бизлер гүна иследик. Мухаддес Китапта: «гүнаның төлеми — өлим», — деп жазылған. Ҳәм Қудай бизлерди қаншелли сүймесин, Ол Өзиниң судьялық шөккишин урып: «Өлим!» — деп айтыўы керек еди. Өйткени Ол ҳақ ҳәм әдил Қудай. Бирақ, сүйиспеншиликли Қудай болып, Ол бизлерди соншелли сүйгенликтен Өзиниң тахтынан адам түринде Ийса Масих болып түсти ҳәм бизлер ушын Ийсаның атанақ ағаштағы өлими менен қун төледи. Бул жерде көплеген адамлар: «Не ушын Қудай әпиўайы кешире алмады?» — деп сорайды. Үлкен кәрхананың директоры былай деп айтады: — Қол астымдағы адамлар көбинесе бир нәрселерди қәте ислейди: бир нәрсени сындырып алады, мысалы ушын, мен оларды бәрҳа кеширемен. Онда, сизиңше, мен ислей аламан, ал Қудай — ислей алмай ма? Адамлар қәлеген кеширимниң төлем менен болатуғынын түсинетуғын жағдайда емес. Мысалы ушын, мениң қызым үйде шыраны сындырып алды. Сүйиўши ҳәм кешириўге таяр әке сыпатында мен оны диземе отырғызып, оны тынышландыраман ҳәм: — Қызым, жылама. Әкең сени жақсы көреди ҳәм кеширеди, — деп айтаман. Бул жерде әдетте сәўбетлесиўши мынаны қояды: — Мине Қудай да усылай ислеўи керек! Сол ўақытта мен былай деп сорайман: — Шыра ушын Ким төлейди?.. Өйткени мен төлеймен! Кеширимге бәрҳа баҳа бар. Мысалы ушын, кимдур сизди басқа адамлардың алдында масқаралайды, ал кейин сиз: «Мен сизди кеширдим», — деп айтасыз. Масқаралағаны ушын ким төлейди? Сиз. Қудай дәл усылай иследи. Ол: «Мен сизлерди кеширемен», — деп айтты. Бирақ бул кеширим ушын Оның Өзи: атанақ ағашта шегелениў менен қун төледи. 11-бап. Ол мениң өмиримди өзгертти Ийса Масих тири. Мениң жасап атырғаным ҳәм ислеп атырғанларымның өзи — Ийса Масихтың өлиминен қайта тирилгениниң дәлили. Фома Аквинский былай деп жазды: «Ҳәр бир жанда бахыт ҳәм мәниске тартылыс жасайды». Мен жас өспирим болған ўақтымда бахытлы болыўды қәлейтуғын едим. Мен дүньядағы ең бахытлы адамлардың қатарында болыўды қәлейтуғын едим. Ҳәм және мен өмирим мәнисли болыўын қәлейтуғын едим. Мен: «Мен киммен? Мен не ушын дүньяға шықтым? Өмир жолым мени қай жерге алып баратыр?» — деген сораўларға жуўап излейтуғын едим. Буннан тысқары, еркин болыўды қәлейтуғын едим. Дүньядағы ең еркин адамлардың бири болыўды қәлейтуғын едим. Мен ушын еркинлик қәлеген жериңе барыў ямаса қәлеген нәрсеңди ислеў дегенди билдирмейтуғын еди. Буны ҳәмме ислей алады (көпшилик адамлар усылай ислейди). Еркинлик — бул «өз ўазыйпам деп есаплаған нәрсеңди ислеў қәбилети». Көпшилик адамлар өзлериниң не ислеўи кереклигин биледи, бирақ буны ислеў ушын оларда ерктиң күши жоқ. Олар шынжырда жасайды. Демек, мен усы сораўлардың ҳәммесине жуўап излеўди басладым. Сол ўақытта маған ҳәмме адамда өз дини бар сыяқлы көринетуғын еди. Ҳәм ең әпиўайы қәдемди иследим: ибадатханаға бардым. Бирақ, мен басқа ибадатханаға барып қалған шығарман. Ол жерде мен өзимди көшедегиден де жаманырақ сездим. Улыўма мен жүдә епшил адамман ҳәм бир нәрсени ислей алмасам, оған точка қояман. Мен динди шетке ысырып қойдым. Сол ўақытта мен былай деп ойладым: бәлким, баслысы — бул жәмийетте орынға ийе болыў шығар? Жетекши болыў, қандай да ис ушын гүресиў, усы гүреске берилиў, «атақлы болыў» — бәлким, өмирдиң мәниси усында шығар? Мен оқыған биринши университетте студентлик шөлкемлердиң басшылары қаржы фондын басқаратуғын ҳәм университеттиң өмиринде үлкен роль ойнайтуғын еди. Мен өз кандидатурамды биринши курстың старостасы таңлаўына қойдым ҳәм мени таңлап алды. Буның ҳәммеси жүдә жағымлы еди: университете мени ҳәмме билетуғын, ҳәмме мениң менен сәлемлесетуғын еди, мен шешимлер қабыл ететуғын, университтиң ақшаларын басқаратуғын, өзим басқа түрли лекторларды мирәт ететуғын едим — улыўма, буның ҳәммеси жақсы еди, бирақ алдынғы исим сыяқлы бул да әсте мени зериктире баслады. Дүйшемби күни азанда бас аўырыўы менен уйқыдан туратуғын едим, себеби кеште кеш жататуғын едим ҳәм: мине, енди және бес күн күтиўим керек, — деп ойлайтуғын едим. Мен тисимди қайрайтуғын ҳәм және жума күниниң келиўин асығып күтетуғын едим. Мениң пүткил бахтым үш нәрседен ибарат еди: жума, шемби ҳәм екшемби күнлери. Ал кейин және надурыс дөңгелек басланатуғын еди. Енди, әлбетте, мен пүткил университке көз бояўшылық иследим: олар мени бахытлылардың бахытлысы деп ойлайтуғын еди. Сиясий шөлкемниң ўақтында бизлерде: «Бахыт = Джош», — деген уран бар еди. Студентлердиң ақшасына мен таўсылмайтуғын кешелерди шөлкемлестиретуғын едим ҳәм олар мениң «бахтымның» басқа қәлеген «бахыттан» ҳеш парқ қылмайтуғынын түсинбеди. Ол толық шараяттан ғәрезли еди. Егер ҳәммеси жақсы болса, мен бахытлы едим, ал егер жаман болса, мениң жанымда да ҳәммеси жаман болатуғын еди. Мен толқынлар, яғный шараятлар ҳәр тәрепке таслайтуғын океандағы кеме сыяқлы едим. Мухаддес Китапта усындай өмирди сүўретлеў ушын жүдә туўры келетуғын сөз бар: бул дозақ. Бирақ басқаша жасайтуғын ҳеш кимди билмейтуғын едим; мен басқаша жасаўды маған үйрете алатуғын ҳәм өмирди өзгертиўге күш бере алатуғын ҳеш кимди билмейтуғын едим. Әтирапымдағы адамлардың ҳәммеси мениң не ислеўим кереклигин айтатуғын еди, бирақ ҳеш ким маған буны ислеў ушын күш бермейтуғын еди. Мен бәрҳа қанаатланбаўшылықты сезе басладым. Америка университетлеринде өмирдиң мазмунын, ҳақыйқатын, мәнисин табыўға шын жүректен ҳәрекет еткен адамлар маған қарағанда аз деп ойлайман. Мен бул мазмунды таба алмадым, бирақ алдын мен буны ойлап қарамайтуғын едим. Бир күни мен университетте өмири бизлердикине не менендур уқсамайтуғын кишкене адамлардың топары бар екенин көрдим — бул топарда сегиз студент ҳәм еки профессор бар еди. Олар өзлериниң исенетуғын нәрсесине не ушын исенетуғынын билетуғындай көринетуғын еди. Сонда олар менен жақыннан танысыўды қәледим. Олардың мениң менен келисетуғыны я келиспейтуғыны маған бәрибир еди. Мениң пикириме қосылмайтуғын жүдә жақын досларым бар, бирақ мен исеними бар адамды бәрҳа ҳүрмет етемен. (Бундай адамлар маған аз ушырасты, бирақ ҳәр сапары усындай болғанда мен олардың алдында үлкен ҳүрметти сезетуғын едим). Соның ушын, мысалға, айырым ўақытлары мен өзимниң масихый туўысқанларымның арасында болғанға қарағанда жәмийеттеги «оң» белсендилердиң арасында өзимди жақсырақ сеземен. Айырым масихыйлар — әпиўайы балық та емес, гөш те емес. Мен олардан кимдур тек жортаға өзин содай етип көрсетеди деп айырым ўақытлары гүманланаман. Ал мине бул кишкене топарда адамлар басқа тәсирди көрсететуғын еди: олар ислеп атырған нәрсесин билетуғындай еди. Бул студентлер ушын әпиўайы емес. Бул адамлар мени қатты қызықтыра баслады: олар тек ғана сүйиспеншилик туўралы айтпады. Олар жәрдем бериўге ҳәрекет ететуғын еди. Олар университет өмириниң жағдайларынан бәрҳа тик тура алатуғындай көринетуғын еди. Басқа қалғанлары усы жағдайлардың астына көмилгендей еди. Ҳәм мениң көзиме түскен және бир жүдә әҳмийетли нәрсе: олар бахытлыдай еди ҳәм олардың бахты сыртқы шараяттан ғәрезсиздей еди. Оларда қуўаныштың турақлы қандай да ишки булағы бар сыяқлы еди. Олар қатты бахытлы еди. Оларда менде болмаған бир нәрсениң бар екени анық. Қәлеген студент сыяқлы, мен өзимде жоқ, ал басқаларда бар болған нәрсени бәрҳа қәлейтуғын едим. (Соның ушын студентлердиң велосипедлерин қоятуғын жеринде велосипедлерди шынжырға байлап кетпей ме? Өйткени, егер билим барлық машқалаларды ҳақыйқаттан шешетуғын болса, онда университетлер адамлар жәмийетиниң ең адамгершиликлиси болған болар еди. Ис жүзинде бул ондай емес). Ҳәм мине, мен усы түсиниксиз адамлар менен досласыўды шештим. Шешим қабыл еткенимнен кейинги ҳәптеден кейин бизлер клуб ханасында — алты студент ҳәм еки оқытыўшы болып отырдық. Күтилмегенде гәп Қудай туўралы болды. Сиз өзиңизге исенимсиз болған ўақтыңызда, тосаттан Қудай туўралы айтса, сиз өзиңиздиң қандай ақыллы, буның ҳәммесинен өтип кеткениңизди ҳәммеге көрсетиўди қәлейсиз. Қәлеген университетте бәрҳа төмендегидей айтатуғын шешен адам бар: — Қойсаңшы! Масихыйлық — ўа-ха-ха! Бул ҳәлсизлер ушын, бизлерге — ақыллыларға — буның кереги жоқ! — (Ол қаншелли қатты бақырып айтса, оның басы соншелли бос болады). Бул сәўбет маған қалай да тийип кетти ҳәм мен олардың топарында болған бир сулыў студент қызға қарадым (алдын мен барлық исениўшилер — сөзсиз сықылсыз адам деп есаплайтуғын едим), ал кейин буның ҳәммеси маған қызық деп ойламаўлары ушын орынлыққа кейин шегинип, былай деп сорадым: — Тыңлаңызшы, сизлердиң өмириңизге не буншелли тәсир етти? Не ушын ол сизлерде басқа студентлер, белсендилер ҳәм оқытыўшылардағыдай емес? Бәлким, бул студент неге исенетуғынын ҳақыйқаттан билетуғын шығар. Ол мениң көзиме туўры қарады ҳәм өмирдиң мәниси ҳаққында сораўға университетте еситиўди күтпеген жуўапты, яғный еки сөзди айтты. Ол былай деп айтты: — Ийса Масих. Мен оған былай деп жуўап бердим: — Эх, Қудай ушын, тек бул болмаған нәрсе туўралы айтыўдың кереги жоқ. Мени дин бийзар етти, мени ибадатхана бийзар етти, мени Мухаддес Китап бийзар етти. Солай екен, дин буның ҳәммеси — бузылыў. Ал ол маған былай деп айтты: — Тыңлаң, мен «дин» деп айттым ба? Мен: «Ийса Масих!» — деп айттым. Ол мен алдын ҳеш қашан еситпеген нәрсени айтты. Масихыйлық — бул динлердиң тек бири емес. Дин — бул адамлардың жақсы ислери менен Қудайға жол салыўға ҳәрекет етиўи. Ал масихыйлық — бул Қудай адамларға Ийса Масих арқалы келиўи ҳәм оларға Өзине деген жолды ашыўы. Университетлерде, бәлким, басқа жерлерге қарағанда масихыйлық ҳаққында натуўры көзқарас көп тарқалған шығар. Жақында мен семинарда студентлерге былай деп айтқан оқытыўшы менен таныстым: — Ибадатханаға киретуғын қәлеген адам масихый болады. Мен былай деп қарсы болдым: — Сиз не, гаражға кирген ўақтыңызда автомобиль боласыз ба? Бул жерде қандай өз-ара байланыс бар? Масихый — бул Масихқа исенетуғын адам. Мениң жаңа досларым маған Ийса Масихтың — Қудайдың Улы; адам болмысында келип, Ол әпиўайы адамлардың арасында жасап ҳәм адамзаттың гүнасы ушын атанақ ағашта шегеленип өлгени, қәбирге қойылғаны ҳәм үш күн өткеннен кейин өлимнен қайта тирилгени ҳәм Ол жигирмаланшы әсирде адамның өмирин өзгерте алыўын критикалық анализлеўди усынды. Мен ҳәммеси — ақмақлық ҳәзил деп ойлайтуғын едим. Ырасын айтқанда, сол ўақытта мен көпшилик масихыйлар — әпиўайы самсамлар деп ойлайтуғын едим. Олардың айырымларын алдын да ущыраттым. Сабақларда мен олардың биреўи турып ҳәм олардың абыройын төгиў ушын кимдур сөйлеўди баслаўын бәрҳа күтетуғын едим. Егер масийхыйдың басында азғантай болса да мий болғанында, онда оны жалғызлықта өлиў күтип турыпты деп ойлайтуғын едим. Мен ҳеш нәрсени түсинбейтуғын болып шықтым! Бул адамлар мени тыныш қоймады ҳәм ақыр-ақыбет мен «шақырықты қабыл еттим». Ырасында, мен буны оларды жоққа шығарыў ушын, менменликтен иследим. Өйткени фактлер менен дус келемен деп ойламаған едим. Мен дәлиллер менен танысыўыма ҳәм олардың ҳақыйқый екенин баҳалаўыма туўры келеди деп ойламаған едим. Ҳәм ақыр-ақыбет, Ийса Масих ҳақыйқаттан Өзин Ким деп көрсеткен болса Сол деген шешимге келдим. Биринши еки китапты масихыйлықты жоққа шығарыў мақсетинде оқығанымды умытпаў керек! Мен буны ислей алмағанымда, ақыр-ақыбет, өзим масихыйлыққа келдим. Ҳәм мине жигирма жылдан аслам ўақыттан баслап мен Масихқа исениў тийкарлы ақылый негизге ийе деген пикиримди ҳүжжетли гуўалықларда дәлиллеў менен шуғылланып киятырман. Бирақ сол ўақытта мен толық албыраўшылықта едим. Мениң санам қарсы болатуғын ҳеш нәрсе жоқ екенин айтатуғын, ал ерким мени артқа тартатуғын еди. Мен масихыйлыққа жол қәлеген жаңадан келген адам ушын аўыр сынақларға толы екенин көрдим. Ийса Масих мениң саналы еркиме шақырық таслады, Ол мени Өзине исениўге шақырды! Бул шақырық шама менен мынадай еди: «Мине, Мен қапы алдында қағып турман. Егер ким де ким даўысымды еситип, қапыны ашса, оның үйине киремен. Мен оның менен, ол Мениң менен бирге аўқат жеймиз» (Аян 3:20). Маған Оның суўдың үстинде жүриўди ҳәм суўды шарапқа айналдырыўды билиўи я билмеўи әҳмийетсиз еди. Сыйқыршылар маған керек емес еди. Бирақ бир нәрсе маған тынышлық бермеди. Улыўма алғанда, санам маған масихыйлық — ҳақыйқат деп айтты, бирақ жанымның тынышы кеткен еди. Ҳәр сапары, мен руўхланған масихый-досларымды ушыратқан ўақтымда тартыслы ўақыя жүз беретуғын еди. Егер қашан болса да сизиң ишиңизде жаман нәрсе болып атырған ўақытта бахытлы адамлардың арасында болған болсаңыз, онда сиз усындай ўақытларда басқаның бахтын көриў қандай ашыўландырарлы екенин билесиз. Олар сондай көринип туратуғындай бахытлы еди, ал мениң бахытсызлығым соншелли, айырым ўақытлары мен орнымнан ушып турып, ханадан жуўырып шығып кететуғын едим. Мен саат тоғызда уйықлаўға жатып, таңғы төртке шекем уйықлай алмаўыма шекем жетти. Есим аўып кетпеўи ушын тезирек шешим қабыл етиўим кереклиги түсиникли еди. Мен жаңа пикирлерге бәрҳа тәсиршең едим, бирақ олар себепли ақылдан азыўды мен қәлемедим. Деген менен, жаңа пикирлерге ашық болғанымның себебинен, 1959-жылы 19-декабрьде кешки саат 8:30 да, университетте екинши курс ўақтымда мен масихый болдым. Бир күни меннен былай деп сорады: — Не ушын сиз буған сондай исенимлисиз? — Себеби мен бунда қатнастым, — деп жуўап бердим мен. — Мениң пүткил өмирим сол ўақыттан баслап өзгерди. Сол кешеде ибадат қылдым. Сол ўақыттан баслап өмиримди өзгерткен, қайта тирилген, тири Масихқа жол табыў ушын ибадат сөзлерин айттым. Ең алды менен мен былай деп айттым: — Ийем Ийса, атанақ ағашта мен ушын өлгениңе саған рахмет айтаман. Кейин мен былай деп айттым: — Мен Саған унамайтуғын нәрселерди мойынлайман, мен Сеннен кешириўиңди ҳәм жанымды тазалаўыңды сорайман. — (Мухаддес Китапта: «Егер гүналарыңыз қарайған болса — қар сыяқлы ағартаман», — деп айтылған). Кейин мен: — Усы ўақытта мен Саған жүрегимди ҳәм өмиримди ашаман ҳәм Саған Ийем ҳәм қутқарыўшым сыпатында исенемен. Мен Саған өмиримди тапсыраман. Мени түптен өзгертиўиңди қәлеймен. Жаратқан ўақтыңда мени қандай етип нийетлеген болсаң, сондай етип өзгерт, — деп айттым. Ҳәм мениң соңғы ибадатым мынадай болды: — Мениң өмириме исеним арқалы киргениң ушын Саған рахмет! Себеби мениң исенимим саўатсызлықтың тийкарында емес, ал гуўалықлардың, тарийхый фактлердиң ҳәм Қудайдың Сөзиниң тийкарында пайда болды. Бәлким, сиз диншил адамлардан «жылдырым урғандай» нәрсени сезгени туўралы еситкен шығарсыз. Мен ибадат етип болғанымда, усыған уқсаған нәрсе менде болмады. Улыўма ҳеш нәрсе болмады. Мен бул шешимди қабыл еткенимнен кейин маған және де аўыр болды. Мен өзимди денеде жаман сездим: мениң кеўлим айныды. Мениң жағдайым қатты жаман болды. Мен: «Не ислеп қойдың, енди қай жерге алып барады?» — деп ойладым. Басымды алып түпсизликке тасланғандай сезим болды. (Гүманланбайман, мениң көплеген досларым мениң Қудайға жүз бурыўы туўралы дәл усылай ойлады). Сизлерге тек бир нәрсени айта аламан: ярым жыл өтти, кейин және бир жыл ҳәм мен ҳеш қандай түпсизликтиң жоқ екенин көрдим. Ал өмирим болса ҳақыйқаттан өзгерди. Бир күни мен бир Америка университетиниң тарийх кафедрасының орынбасары менен тартыстым. Мен өмирим өзгергенин айттым, ал ол мениң сөзимди бөлип: — Мак-Дауэлл, сиз бизлерди жигирмаланшы әсирде Қудай өмириңизди өзгерткенине исендирмекшисиз бе? Қызық, бул қалай? Қырық бес минут өтти ҳәм ол маған былай деп айтты: — Енди, яқшы, яқшы. Жетерли. Негизинен, мен өзимниң исенимим туўралы айтып бердим. Алдынлары мен өзиме қандай да жумысты бәрҳа табыўым керек еди: я сүйикли қызыма жуўырдым, я досларым менен отырып, тынбастан желпилдедим, я университеттиң алдында арман-берман жүрдим, ал ойымда болса ҳақыйқый ийирим бар еди. Мен жүретуғын қарама-қарсылықлар үйиндиси едим. Мен жумыс ислеўге ямаса тек ойлаўға ҳәрекет еттим, бирақ ойымды бир жерге жыйнай алмадым. Ҳәм мине, шешим қабыл етип ҳәм масихый болғанымнан бир неше ай өткеннен кейин мен ишки тынышлыққа ийе болдым. Мени дурыс түсиниң: бул мениң өмиримде қарама-қарсылықлы жағдайлар қалмады дегенди билдирмейди. Өзимниң Ийсаға деген исенимимде мен қарама-қарсылықлардың жоқ болыўын ғана емес, ал оларды жеңиўге ишки уқыплылыққа ийе болдым. Буны мен дүньядағы қандай байлыққа болса да алмастырмаған болар едим. Кейин, мениң жүдә аўыр минезим бар еди. Мениң атылыўым ушын бир қыя нәзер жетерли еди. Бир төбелестен менде өмиримниң ақырына шекем шандықлар қалды: төбелесте мен бир адамды өлтириўиме сәл қалды. Сол ўақытта мен биринши курста едим. Жаман минезим жеккелигимнен узақ болмағанлықтан, мен бир нәрсени өзгертиўге де ҳәрекет етпедим. Ҳәм мине бир күни мен усындай аўыр жағдайға түсип қалдым ҳәм тосаттан пүткил қызбалығым қай жергедур ушып кеткенин көрдим! Он төрт жылдың ишинде мен тек бир мәрте өзимди тута алмадым — ҳәм бул алты жыл алдын болған еди! Кейин менде маған абырой алып келмейтуғын және бир нәрсе бар. Мен ол туўралы көплеген адамлардың сол кемшилик пенен қыйналып атырғаны себепли айтып атырман. Мен оннан қалай қутылыў усылын таптым: — бул қайта тирилген ҳәм тири Масихқа исениў. Мен жек көриўшилик ҳаққында айтып атырман. Жаслығымда көп нәрсени жаман көретуғын едим. Әлбетте, бул жек көриўшиликти көрсетпеўге ҳәрекет еттим, бирақ оны ишимде бәрҳа сезетуғын едим. Адамларды, нәрселерди, машқалаларды жек көретуғын едим. Көплеген адамлар сыяқлы, мен өзиме қатты исенимсиз едим. Меннен парқ қылатуғын қәлеген адамда өзим ушын қәўипти көретуғын едим. Бирақ мен дүньяда ҳәммесинен бетер жек көретуғын бир адам бар еди. Бул мениң әкем еди. Ол мен ушын қалалық мәскүнем еди. Егер сиз кишкене қалада туўылған ҳәм шаңарағыңызда мәскүнем бар болса, онда сиз буның не екенин билесиз. Бул туўралы пүткил қала биледи. Мектепте әкемниң қай жердедур «жүргени» туўралы ҳәзил қылатуғын еди. Олар мениң кеўлиме тийип атырғанын түсинбейтуғын еди. Олар менен бирге күлетуғын, бирақ ишимде мен қыйналатуғын едим. Айырым ўақытлары мен амбарға кирип ҳәм сол жерде қыйдың үйиндисин ҳәм оның үстинде сабалған ҳәм күшсиз анамның жатырғанын көретуғын едим. Егер бизлер қонақ күтетуғын болсақ, мен әкемди үйден шығарып, оны байлап ҳәм амбарға таслайтуғын едим. Оның машинасын мен айдап ҳәм узақ жерге қалдырып кететуғын едим. Бизлер досларымызға әкемди ис бойынша кетти деп айтатуғын едик. Дүньяда ҳеш бир адам, мениң әкемди жек көргенимнен күшлирек адамды жек көрмейтуғын шығар. Масихқа исенгенимнен кейин — бәлким, бес ай өткен шығар — мениң өмирим Ийса Масих арқалы Қудайдың берген сүйиспеншилигине толды. Бул сүйиспеншилик жек көриўшиликке орын қалдырмады. Мен күтилмегенде әкемниң туўры көзине қарап ҳәм: — Әкежан, мен сени жақсы көремен! — деп айта алдым. Алдын мен ислегенлеримнен кейин, бул оны таң қалдырды… Мен жеке меншик университетке өткен ўақтымда аварияға дус болдым. Ҳәмме жерим байланып, мен үйге келдим. Сол ўақытта әкемниң қалай келгенин ҳеш ўақытта умытпайман. Ол: — Балам, сен усындай әкени қалай жақсы көре аласаң? — деп сорады. Ал мен оған: — Әкежан, ярым жыл алдын мен сени жек көретуғын едим… — деп айттым. Ҳәм мен оған Масихқа қалай келгеним туўралы айтып бердим: — Мен тек ғана өмиримди Масихқа аштым. Буны еле сөз бенен түсиндире алмайман, бирақ нәтийжеде мен тек ғана сени емес, ал қандай болса, сондай етип улыўма адамларды сүйиў қәбилетине ийе болдым. Қырық бес минуттан кейин өмиримдеги ең таң қалдыратуғын нәрсени басымнан өткердим. Мени өзиниң бес бармағындай билген жақын туўысқанымыз маған: — Балам, егер Қудай мениң көз алдымда сениң өмириңди өзгеркени сыяқлы мениңде өмиримди өзгерте алатуғын болса, мен де ҳәрекет етип көрмекшимен… — деди. Әкем ибадат қылды ҳәм Масихқа исенди… Әдетте адам бир неше күн, ай даўамында, айырым ўақытлары жыл даўамында өзгереди. Мениң өмирим бир ярым жылда өзгерди. Ал әкем болса мениң көз алдымда бирден өзгерди. Биреў қолын созып ҳәм өширип таслағандай. Ҳеш қашан, буннан алдын да, кейин де, мен бундай тез өзгериўди көрмедим. Буннан кейин әкем қолына шарап шийшени бир мәрте алды. Ол оны ернине жақынлатты ҳәм қайтып қойды. Буннан мен жалғыз мүмкин болған шешимди иследим. Ийса Масихқа исениў ҳақыйқаттан адамды түптен өзгертеди. Масихыйлықтың үстинен күлиў, масихыйларды масқаралаў мүмкин. Бирақ ол күшке ийе. Масих адамның өмирин өзгертеди. Бирақ масихыйлықты адамға күш пенен исендириўге болмайды. Сизиң өз өмириңиз, мениң өз өмирим бар. Мен тек өзим билген нәрселерди сизлер менен бөлисе аламан. Шешимди сиз қабыл етесиз. Бәлким, мениң ибадатым сизге де жәрдем беретуғын шығар? Мине ол мынадай: «Ийем Ийса! Мен Саған мүтәжбен, себеби мен гүнакарман. Мен ушын атанақ ағашта өлгениң ушын Саған миннетдарман. Маған қутқарыўшы исенимди бер. Мени кешир ҳәм мениң жанымды тазала. Мен Сени өзимниң Қутқарыўшым ҳәм Ийем сыпатында қабыл етемен. Уллы Қудай, мени қандай етип жаратқан болсаң, сондай болыўыма жәрдем бер: Әке, Ул ҳәм Мухаддес Руўхтың атынан, Аўмийин».