Пол Эстебрукс ДАЎЫЛҒА ТӨТЕПКИ БЕРИЎ Оқыў қуралы Жумыс дәптери ОҚЫЎ ҚУРАЛЫ Кирисиў Даўылға төтепки бериў Қуйын турып, залымлар жоқ болар, Әдиллер мәңги беккем турар. Сулайманның ҳикметлери 10:25 Масихыйлар ғам-тәшиўишсиз ҳәм жеңил өмир сүремиз деп, өзлерин алдамаўы тийис екенлигин кем-кемнен түсинип жетпекте. Ийсаның Өзи бул ҳаққында айтқан еди. Бүгинги күнде, Ийсаның избасарлары көп еллерде Оның мына сөзлериниң дурыс екенин өз өмирлеринде бастан кеширмекте: Бул дүньяда қыйыншылық көресизлер, бирақ мәрт болыңлар: Мен дүньяны жеңдим (Юхан 16:33). Сонлықтан сынақлар ўақтында, қуўдалаўлар ҳәм азаплардан қутылыўға ҳәрекет етиў емес, ал керисинше бул сынақларға төтепки бериўди қәлеў дурыс болады. Аўа, өмиримизде көз жаслардың бар екенин мойынлаўымыз керек, бирақ Қудайдың көз жасларымызды сүртип таслайтуғын ўақыты келеди. Биз жасап атырған бул дүнья ойын майданшасына емес, ал урыс майданына уқсайды. Сол себептен биз Ефеслилерге жазылған хаттағы 6-бапта сөз етилген Қудайдың руўхый саўыт-қураллары ҳаққында айтылған мына сөзлерге дыққат қойыўымыз тийис: Сонлықтан жаман күнде оларға қарсылық көрсете алыўыңыз ушын ҳәм толық жеңиске ерискениңизден соң, беккем тура алыўыңыз ушын, Қудайдың барлық саўыт-қуралларын тағып алыңлар (Ефес. 6:13). Және де, Ийсаның басқа сөзлери де есимизде: «Солай етип, Мениң усы сөзлеримди тыңлап, оларды орынлаўшылардың ҳәр бирин өз үйин жартас үстине салған ақыллы адамға уқсатаман. Жаўын жаўып, дәрьялар тасып, самал есип, бул үйди соққылады, бирақ ол жартас үстине салынғанлықтан қуламады» (Матта жазған Хош Хабар 7:24–25). Ийса бизлерге даўыл самаллары бетимизге урмайды деп ўәде еткен жоқ, бирақ Ол беккем тийкар үстине салынған үй ҳәр қандай даўылға төтепки бере алатуғынын айтып, исендирген еди. Беккем тийкар дегенимиз, бизлер Ийсаның сөзлерин тек еситип ғана қоймай, ал оларға бойсынғанымыз нәзерде тутылады. Қудайдың сөзине усылай бойсыныўымыз, бизлердиң ең қыйын қуўдалаўларда да беккем тура алыўымыздың кепили болып табылады. Бизиң курсымыздың мақсети — бизлерге ҳәр қандай жағдайға төтепки бере алыўымызға жәрдем беретуғын, өмиримиз ушын әҳмийетли болған Мухаддес Китап ҳақыйқатларын табыўдан ибарат. Дүньяның айырым аймақларындаисениўшилерге қарсы қуўдалаўлар болыўына қарамастан, руўхый ояныў келмекте. Қудай Өзизбасарларыныңисенимин азап оты менен тазаламақта. Жәмәәтлердиң дүзилиси өзгерип, адамлар өмиринде не нәрсени биринши орынға қойыў кереклигин түсинип жетпекте. Жәмәәттиң өзи тийкарғы қунлылығынақайтпақта. Масихқа исениўши жаңа адам қәлиплеспекте. Адамның өзгериўиниң ҳақыйқый мәнисин Павелдиң мына сөзлери арқалы табыўға болады: «Бирақ булардың ҳәммесиниң үстинен бизлерди сүйетуғын Масих себепли үлкен жеңиске ерисемиз» (Римлилер. 8:37). Жеңиске ерисиўши адамлар ҳаққында Юхан жазған Аян китабында да сөз етилген. Сол менен қатар, елиў жылдан асламырақ ўақыт ишиндеги, исеними ушын қуўдаланған масихыйларға арналған хызметимизде (биз оларға Мухаддес Китап жиберип, жубаныш берип турдық), қуўдаланғанлардың тәжирийбеси ҳәр биримизди Мухаддес Китап ҳақыйқатларын күнделикли өмиримизде қолланыўды үйрететуғынына бизиң миссиямыздың хызметкерлериниңкөзлери жетти. Бул ҳаққында елши Павел өзиниң Коринфлилерге жазған 2-хатында (1:3–4) былай деген: Қудайға, яғный Ийемиз Ийса Масихтың Әкесине ағыслар болсын! Ол бизлердиң реҳимли Әкемиз ҳәм толық жубаныш бериўши Қудай. Қудай бизлерге барлық қыйыншылықларымызда жубаныш береди. Солай етип, бизлер де Қудайдан алған жубаныш пенен ҳәр қыйлы қыйыншылықларда болған адамларға жубаныш бере аламыз. Бизиң қолланбамыздағы ҳәр бир сабақ биз қуўдаланған деп атаўшы жәмәәттеги масихыйлардың тири гүўалығынан ибарат. Олар бизиң нәзеримизде кем-кемнен азатлығы азайып баратырған еркин дүньяда жасап атырған туўысқанлар менен өз тәжирийбесин бөлиседи. Бизиң пикиримизше, олардың гүўалықлары барлық масихыйлар ушын руўхый жаңаланыўдың туқымларына ийе. Және де, биз «соңғы ўақытта» жасап атырғанымызға беккем исенемиз (Матта жазған Хош Хабар 24-бап ҳәм Марк жазған Хош Хабар 13-бапқа қараң). Усы «соңғы күнлерде» масихыйларға өз исенимин сақлап қалыў қыйынырақ болады, сонлықтан биз Масихтағы өмиримизге ҳәм қайта тирилиўдеги Оның өмириниң күшине жаңаша қараўымыз тийис. Мухаддес Жазыў Қудайдың жалғыз мақсетти гөзлейтуғынын үйретеди, яғный Қудай бизлерди өзгертип, Өз Улына уқсатқысы келеди. «Оның Улына уқсаў» деген сөзлер нени аңлатады? Буған жуўапты Ийсаның Өзи айтқан сөзлеринен табыўымызға болады: «Себеби Адам Улы да Өзине хызмет еттириўге емес, ал Өзи хызмет етиўге ҳәм көплеген адамлардың қутқарылыўы ушын Өз жанын қурбан етиўге келди» (Марк жазған Хош Хабар 10:45). Солай етип, Қудай бизлердиң өмиримизде усылай ис тутыўымызды қәлейди деп батыллық пенен тастыйықлаўымызға болады. Яғный, биз өз өмиримизди ҳақыйқый бойсыныўшылық пенен қурбан етиўимиз ҳәм басқа адамларға шын жүректен жәрдем бериўимиз тийис. Қудай бизлерди Өз хожалығына Оның Улына деген исенимимиз арқалы алып келеди. Буннан кейин, Ол бизлерде Масихты айрықша тулға қылған қәсийетлерди қәлиплестирип барады. Бизлерде Масихта болған қулдың жүреги ҳәм Ол ийе болған қурбан етиўшилик руўхы болыўы керек. Масихыйлар жийи өзиниң тийкарғы хызметине итибарсыз қарайды. Масихыйлықтың ең белгили нышанлары атанақ ағаш, балық ҳәм Мухаддес Руўхтың тымсалы болған кептер болып табылады. Ең белгисиз ҳәм онша туўры келмейтуғын тымсаллардың бири сүлги болып, Ийса сүлгини кишипейилллик пенен хызмет еткенде, Өз шәкиртлериниң аяқларын жуўып, оларды сүлги менен сүрткенде қолланған еди. Масихыйдың және бир күшли тәреплериниң бири — бул гүресиўши әскер. Қорқынышлы тарийхый ўақыялар себепли, масихыйлар қолына қурал алып, басқа адамларға, ҳәтте, масихыйларға қарсы шыққанлықтан, бизлер бул тымсалды қолланғанымызда, сақ болыўымыз тийис. Олай болмаса, гейбир адамлар оны күш жумсаў қәўипи деп түсинип қалыўы мүмкин. Бул Мухаддес Китап тәлийматына пүткиллей қарсы шығады. Солай болса да, биз Жаңа Келисимдеги руўхый урысларда жедел қатнасатуғын Масихтың әскери бийнесинен ўаз кеше алмаймыз. Сонлықтан бул қолланбадағы усы метафораны, яғный хызметтеги әскер бийнесин қолланамыз. Амбонда (Индонезия) 1999-жылдың басында «Атанақ ағаш әскерлери» атлы жаслардың масихый лагери шөлкемлестирилди. Бул лагерьге қәҳәрленген мусылман экстремистлери ҳүжим жасады. Олар Рой Ронтон атлы он бес жасар баланы қолға алып, оны сораўға тута баслады. Олар баладан: «Сен кимсең?» — деп сорағанда, бала оларға: «Мен — Ийса Масихтың әскеримен», — деп жуўап берди. Сонда ашыўдан буўлыққан экстремистлер баланың шеп қолын шаўып таслады. Соңынан тағы тергеў даўам етип, олар баладан: «Сен кимсең?» — деп сорады. Рой және: «Мен — Ийса Масихтың әскеримен», — деп жуўап берди. Сонда олар баланың оң қолын шаўып таслады. Олар балаға: «Аллаҳ акбар» деген сөзлерди айтқызыўға мәжбүрлемекши болғанда, бала: «Мениң билиўимше, Ийса Масих — жалғыз Қудай», — деп жуўап берди. Сонда ғәзепке минген баскесерлер баланың қарнын жарып, және оннан: «Сен кимсең?» — деп сорады. Соңғы күшлерин жыйнап, Рой суўық демин шығарды да: «Мен — Ийса Масихтың әскеримен», — деди. Сонда олар баланың басын шаўып, денесин шуқырға таслады. Сөзсиз, егер биз усы ўақыядан алдын Рой менен сөйлескенимизде, онда Ийсаға деген бундай батыллық ҳәм садықлықты таппаған болар едик. Бирақ Рой сынақтан ылайықлы түрде өтти, ол өз Ийесине жеңимпаз сыпатында көтерилип кетти. Биз бул қолланбаны исениўши адамлар оқыйды ҳәм үйренеди деп ойлаймыз. Өйткени ҳәмме нәрсени жеңе алатуғын масихый өмирде жасаў тек қыйын болып қалмай, бундай өмирде жасаў да мүмкин емес. Исенимсиз мүмкин емес! Бизлерге исениў — бул бизиң ўазыйпамыз ямаса биз Қудайға қайтарыў керек болған бир нәрседей болып жийе көринеди. Ал негизинде, биз Қудайға ҳеш нәрсе бере алмайтуғынымызға исене де алмаймыз. Биз ҳәмме нәрседе, ҳәтте, исенимде де Оған сүйениўимиз тийис. Исенимди Қудайдың қымбатбаҳа сыйы сыпатында қабыл етсек, онда биз гүна үстинен жеңиске ерисемиз ҳәм барлық сынақлардан ылайықлы түрде өтемиз. Егер биз тек өзимиздиң ҳәлсиз исенимимизге исенсек, буған бизиң күшимиз жетпейди. Исеним бизди азаплардан азат етпейди. Бирақ ол бизге азапларда жеңиске ерисиўге бәрқулла күш береди. Масихыйларды қуўдалайтуғын елден болған бир жәмәәт басшысы келеси сөзлерди айтқан еди: «Бизиң өмиримизди пуў қазандағы өмирге мегзетиўге болады. Жасаў ушын биз жоқары басым астында сыналған исенимге ийе болыўымыз тийис. Жаслар Масихты Оның өзлерине жақсы тәғдирди ўәде еткени ушын ҳәм Масихқа деген исеним «сәнге» айланғаны ушын қабыл етпейди. Олар тек Масих ушын өлиўдиң турарлық ис екенин түсинеди. Олардың тәлийматы усындай ақыбетке алып келетуғыны сөзсиз. Қолыңыздағы қолланбада биз қуўдалаўлар ҳәм оның нәтийжеси болған қыйыншылық ҳәм қайғыны изертлеймиз. Бул қуўдалаўлар ҳәм азаплар арқалы шайтан бизлерге үмитсизлик берип, қорқытпақшы болады ҳәм ақырында сындырыўды қәлейди. Биз шайтанның жалғанын әшкаралаймыз ҳәм адам руўхы ушын өз алдына кислород болған бизиң Қудайға деген исенимизди қалай сақлап қалыўымыз кереклигин буйыратуғынын көрсетемиз. 1980-жыллары «Ашық есиклер» миссиясының хызметкери тез өсип баратырған үй жәмәәтиниң идеологы болған Вьетнамдағы бир шопанды барып көрген еди. Ол ҳүкимет шопанды қамаққа салатуғынын айтып, қорқытып атырғанын билди. Сонда шопан бизиң кәсиплесимизге: «Буның қашан болмасын жүз беретуғынын билемен. Егер мени қамаса, не қылыў кереклиги бойынша, мен өз адамларымды таярлап қойыппан. Мен буған таярман», — деген еди. Шопанның бундай жуўабында үш нәрсени көриўге болады: • ақыллылық: «Мен билемен, бул жүз береди». • тәжирийбе: « Егер мени қамаса, не қылыў кереклиги бойынша, мен өз адамларымды таярлап қойыппан». • руўхыйлық: «Мен буған таярман». Биз өз қолланбамызда диний қуўдалаўлар жағдайында масихыйлардың өмириндеги үш нәрсениң ҳәммесин изертлеп шығыўға ҳәрекет етемиз. Және де, ақыл, руўхыйлық ҳәм тәжирийбе көз қарасынан китаптың тийкарғы түсиниклери болған атанақ ағаш, жәмәәт, келиспеўшилик, жасаў мүмкиншиликлери ҳәм өмир қураллары, руўхый урысқа таярлық, жеңис талланады. Ал қосымшада семинарлар, әдалатлы урыс теорияларын талқылаў ҳәм «темир перде» қулағаннан кейин, бурынғы социалистик еллерде жасаўшы исениўшилердиң өмиринен бизлер алған сабақлар бар. Қолланбаға қосымша етип, оқыўшылар ушын жумыс дәптери де усынылады. Ал соңында тағы бир жол-жорықты да айтып өтейик: биринши бапты үйрениўге кирисиўден алдын, Ийшая пайғамбардың китабының 52-ши ҳәм 53-бапларын оқып шығың I БӨЛИМ Атанақ ағаш Биринши бап Бизиң теңи-тайы жоқ Қутқарыўшымыз ийса Масих кеше, бүгин ҳәм мәңгиликке бирдей. Еврейлерге 13:8 Насыралы Ийсаның үш минезлемеси Оның теңи-тайы жоқ екенлигин тастыйықлайды: 1. Ийса Масих — тарийхта, Мухаддес Китапта ҳәм жәмәәтте орайлық тулға Ол жер бетинде жасаған барлық адамлар арасында теңи-тайы жоқ ҳәм Оның аты басқа барлық атлардан артық. Өзи Қудай бола тура, Ол адам болып, бизиң арамызда жасады. Ол Адам ҳәм Қудай! (Филиплилерге 2:6–11-аятларға қараң). 2. Ийса Масих — пүткил цивилизация орайы Ол — бизиң Қудай ҳаққында пүткил билимимиздиң тийкары. Ол — мәңгилик ўақыт пенен кесилисетуғын ноқат. Ол — пүткил тиришиликти Өзине тартатуғын, ҳәмме әсирлерден бурын бар болған Қутқарыўшы (Колосалыларға 1:15–17-аятларға қараң). 3. Ийса Масих — Қудайдың толық аяны Ол — толық Сөз ҳәм адам болып келген Қудай. Ол — қүдиретли Қудайдың Улы ҳәм адамзатты сүйиўши Қутқарыўшы (Юхан жазған Хош Хабар 1:1–18). Ол — тәкирарланбас Үлги ҳәм ҳәмме нәрсени билиўши Устаз, жақсы Ҳүкимдар ҳәм дана Муғаллим, мийримли Жубатыўшы ҳәм қүдиретли Шыпалаўшы, исенимли Қутқарыўшы ҳәм тең ҳуқықлы Қун төлеўши, жақын ҳәм садық Дос, бизиң мухаддес ҳәм мийрим-шәпәәтли Ийемиз. Ол — Ески Келисимдеги үш хызметтиң ҳәммесин, Пайғамбар, Руўханий ҳәм Патша хызметин атқарған (Еврейлерге 10:19–23; Аян 7:14 — аятларға қараң). Бир белгисиз автор өзиниң Ийсаның өмириниң мәниси туўралы айтқан гүрриңиниң жуўмағында былай деген: «Бул жер бетинде қашанлардур сап тартып жүрген барлық армиялар, океан кеңисликлеринде қашанлардур жүзген пүткил флот, жер жүзинде қашанлардур ҳүкимдарлық еткен ҳәмме патшалар ҳәм дүньяда болған барлық ҳүкиметлердиң ҳәммеси қосылып, адам өмирине усы бир өмир жасаған тәсирди жасай алмады!» Солай етип, Ийса — патшалар Патшасы ҳәм ҳүкимдарлар Ҳүкимдары! Ийса ҳақыйқый Патша болса да, Ол Өз жағдайының уллылығынан рәҳәтлениў ушын емес, ал адамларға хызмет етиў ушын келди. Ол кәмбағал орталықта туўылды ҳәм Өзиниң пүткил өмирин ғәрип-қәсерлерге арнады. Ол Патша бола тура, адамлардың қолынан азап шегиў, атанақ ағаштағы хорлықлы өлимди көриў, Қудайды алғыслаў ҳәм шайтанның үстинен жеңиске ерисиў ушын келди. Ийса туўылмастан 600 жыл бурын пайғамбар қыздан теңи-тайы жоқ Нәрестениң туўылатуғынын, Оның аты Иммануел болатуғынын (Иммануел — «Қудай бизлер менен бирге») болжап айтқан еди (Ийшая 7:14). Пайғамбар өз пайғамбаршылығын Оның пүткиллей теңи-тайы жоқ дәрежелери менен толықтырды: Әжайып Мәсләҳәтши, күшли Қудай, мәңгилик Әке, парахатшылық Шаҳзадасы» (Ийшая 9:6–3 аятларға қараң). Бирақ пайғамбар азап шеккен Ийсаны толығырақ қылып сүўретлеп берген еди. АЗАП ШЕГИЎШИ ХЫЗМЕТШИ Ийса патшалық етпеди, ал хызмет қылды. Мухаддес Китап бизге Ийсаның анық көринисин, оның азап шеккен хызметши болғанын көрсетеди. Оның қул сыпатында болатуғынын Ийшая болжап айтқан еди. Оның хызметтеги шеккен азапларының ең шыңы — Голгота атанақ ағашта шеккен азаплары болды. Келиң, Мухаддес Китаптан азап шеккен хызметши тақырыбын избе-изликте қарап шығайық: 1. Ийса хызмет етиў үлгисин көрсетти Ийсаның Өзи бул дүньяға Өзине хызмет еттириў ушын келмегенин айтқан еди. Ол Патша болғанлықтан, толық бийликке ийе болды ҳәм буған толық ҳуқықлы еди. Солай болса да, Ол хызметши болыў ушын келди (Филиплилерге 2:7). Ийса Өз тәлийматында таң қаларлық сөзлерди айтқан еди: өлиў — бул жасаў, жойтыў — ерисиў, хызметши сыпатында хызмет етиў — басқарыў демек. 2. Мухаддес Китапта жазыўшы тәрепинен сүўретленген Ийсаның ең ҳақыйқый ҳәм анық сүўрети азап шеккен хызметшини көрсетеди Бул атанақ ағашқа шегеленген Ийса. Ийса келмесинен 600 жыл алдын Ийшая Оның атанақ ағашқа шегеленетуғынын болжап айтқан. 3. Ийшая Ийсаның азап шегиўши қул болатуғынын болжаған еди Ийшаяның пайғамбаршылықларында төрт «қул қосығын» ушыратамыз. Олардың ишиндеги ең белгилиси — жуўмақлаўшы төртинши қосық болып, ондағы ҳәр бир сөз айрықша дыққатты талап етеди. Қалған ҳәммесинде болғанындай, бул қосықта да қайталаўшы поэтикалық усыл қолланылған ҳәм биз оны ҳәр оқыған сайын көп аянларды алып барамыз. Қосықты үш тақмақтан бес бөлимге бөлиўге болады. Мине, қулым табысқа ериседи, Ол көтерилип, уллыланып, ең бийикке шығарылады. Көплер оған ҳайран қалды. Оның түр-түси адамға уқсамайтуғын сықылсыз, Көриниси де адам улына уқсамайтуғын еди. Ол көп миллетлерди лал қалдырады, Патшалар оның алдында аўзын жумады. Себеби олар айтылмаған нәрселерди көрип, Еситпеген нәрселерин түсинеди. Бизлерге жиберилген хабарға ким исенди? Жаратқан Ийениң күш-қүдирети кимге аян болды? Жаратқан Ийениң қулы Оның алдында нәлдей, Қурғақ жердеги тамырдай өсип шықты. Бизлер оған қарағандай, Онда сын-сымбат та, уллылық та болмады, Өзине тартқандай көринис те жоқ еди. Ол адамлар тәрепинен кемситилди, оннан жүз бурылды. Ол қайғының, азап-ақыреттиң не екенин билетуғын еди. Адамлар оннан бетин жасыратуғындай дәрежеде ол кемситилди, Оны биз адам қатарында көрмедик. Хақыйқатында ол, бизлердиң кеселликлеримизди өзине алды, Аўырманлығымызды көтерди. Бизлер болса, оны Қудай тәрепинен жазаланып, Урылып, азап шегип атыр, деп ойладық. Ал Ол бизлердиң қылмысларымыз ушын жарақатланды, Бизлердиң жынаятымыз ушын азап шекти. Тынышлық алыўымыз ушын берилетуғын жазаны ол алды, Оның жаралары бизлерге шыпа берди. Бизлердиң ҳәммемиз қойлардай жолдан адастық, Ҳәр биримиз өз жолымыздан кеттик. Жаратқан Ийе Оған ҳәммемиздиң қылмысымызды жүкледи. Ол езилип, азап шексе де, аўзын ашпады, Сойылыўға алып баратырған қозы киби, Жүн қырқыўшының алдында үнсиз жатқан қой киби, Ҳеш аўзын ашпады. Ол наҳақ ҳүким менен алып кетилди. Халқымның жынаяты ушын азапланып, Тирилер әлеминен шығарып тасланды. Оның заманласларынан қайсы бири буны билди? Ол залым да болмаған, Аўзынан жалған сөз де шықпаған болса да, Оның қәбири залымлар жанынан белгиленди, Ол бай адамның қасына қойылды. Оның жәбирленип, азап шегиўи Жаратқан Ийениң қәлеўи еди. Оның жаны гүна ушын қурбанлық етип берилген ўақытта, Ол өз урпақларын көрип, өмири узаяды. Ол арқалы Жаратқан Ийениң ерки орынланады. Жан азабынан соң ол нурды көреди, Өз билими арқалы қанаатланады. Мениң әдил қулым көплерди ақлайды, Олардың қылмысларын Өзине алады. Сонлықтан уллылар қатарында оған пай беремен, Күшлилер менен Ол олжа бөлиседи. Өйткени Ол жанын қурбан етти, Жынаятшылар қатарында саналды, Көплердиң гүнасын өзине алды, Қылмысшылар ушын араға түсти. Ийшая 52:13–53:12 Бул қосықта азап арқалы орынланған Оның қутқарыўшылық хызмети теңи-тайы жоқ хызметшиниң айрықша өзгешелиги деп аталған. Қосықтың тийкарғы пикирлерине дыққат аўдарың: • қосық қулды алғыслаў менен басланады ҳәм жуўмақланады (биринши ҳәм бесинши үзиндилер); • баянлаў орайында қулдың қабыл етилмеўи (екинши ҳәм төртинши үзиндилер); • орайлық (үшинши) үзиндиде азап шегиў арқалы қун төленгени түсиндириледи: «Ал Ол бизлердиң қылмысларымыз ушын жарақатланды, Бизлердиң жынаятымыз ушын азап шекти. Тынышлық алыўымыз ушын берилетуғын жазаны ол алды, Оның жаралары бизлерге шыпа берди». Жаңа Келисим авторлары Ийса Масихты ҳәм Оның Голгота атанақ ағашында қурбан болыўы арқалы қун төлеп, қутқарғанын сүўретлегенде, бул қосықты туўры яки астарлы түрде тилге алады. Елши Павелдиң айтыўы бойынша, Ийса атанақ ағашта бизлердиң ҳәммемиз ушын өлгенде, Өзин кишипейил тутқан еди. Кейин Ол мәртебеге еристи ҳәм Оған ҳәр қандай аттан жоқары болған ат берилди. Ийсаның аты аталғанда, ҳәр бир урыў ҳәм ҳәр бир халық Оның алдында бас ийип, Оны Ийеси сыпатында мойынлайды (Филип. 2:6–11)! Биз Қутқарыўшымыздың ислеген исиниң сырлы уллылығын тек гүмилжи түрде ғана көз алдымызға келтире аламыз. Биз Оған исенемиз ҳәм Оның бизиң гүналарымыз ушын толық төлем төлегенине исенимимиз кәмил болған ҳалда, буған қуўанамыз. Ийсаның тил менен айтып жеткизиў қыйын болған азаплары бизге уллы қуўанышқа қарай жол ашты. 4. Солай етип, жеңис сыры бәрқулла атанақ ағашта жасырынған деген жуўмаққа келиўимизге болады Қудайдың жолы усындай. Елши Юханның Аян китабында Шалынған Қозының тахтқа отырғызылғанын көремиз (Аян 5:6; 17:14; 19:7–10 ға қараң). Сол сыяқлы, бизиң руўхтағы ҳақыйқый жеңисимиз өмиримиздеги атанақ ағаш нышанына айланады. Ийшаяның пайғамбаршылығындағы қосық азап шеккен хызметши болған Ийсаны туўрыдан-туўры нәзерде тутады. Тағы да, үзиндиден көринип турғанындай, Қудайдың еркине бойсыныў, өз атанақ ағашымызды қабыл етиў Ийсаның шәкиртлерине тийисли. Елши Павел атанақ ағаш ҳаққында тез-тез сөз етеди. Әсиресе ол Галатлыларға жазылған хатта баста исенип болмас сөзлерди айтады: «Мен Масих пенен бирге атанақ ағашқа шегеленгенмен. Енди жасап атырған мен емес, ал менде Масих жасап атыр. Ҳәзир денеде жасап атырған өмиримде мени сүйген ҳәм мен ушын Өзин қурбан еткен Қудайдың Улына деген исенимим менен жасап атырман» (Галат. 2:19–20). Даўам етип хаттың ақырында, ол былай деп жуўмақлайды: «Ал мен Ийемиз Ийса Масихтың атанақ ағашынан басқа бир нәрсе менен ҳеш қашан мақтанбайман. Усы атанақ ағаш арқалы дүнья мен ушын өлген, мен де дүнья ушын өлгенмен» (Галат. 6:14). Бул жерде атанақ ағашқа шегелениўдиң үш түри ҳаққында айтылады. Дәслеп бизиң қутқарылыўымыздың тийкары болған Ийсаның атанақ ағашқа шегелениўи. Тек Оның Өзин атанақ ағашта қурбан етип өлиўи ғана бизиң қутқарылыўымызға жол ашып берди. Биз дүньяның рәҳәтлеринен, атақ-абырайынан, байлықларынан ҳәм толық жарылқаў алыўымыз ушын кесент ететуғын басқа барлық нәрселерден ўаз кешиўимиз керек. Кейин бизлер қутқарылған исениўшилер сыпатында, енди өзимизди бузылған дүньяға тийисли болған нәрселер азғырмаўы ушын, ҳәр күн сайын өзлеримизди атанақ ағашқа шегелеп барыўымыз тийис. Коринфлилерге жазылған екинши хатта (1:9) Павел өлимди жеңиў усылы болған өзи ушын шығарылатуғын өлим жазасы ҳаққында айтады. Биз өзимизде бар болған ҳәмме нәрсени — өз келешегимизди, өзимиз сүйетуғын адамларды, ҳәтте, өз өмиримизди Қудайға бере алсақ ғана руўхый азатлыққа ерисе аламыз. Биз Лука жазған Хош Хабарда (9:23–25) баслы дыққатты қурбанлыққа емес, ал ҳақыйқатқа қаратыў кереклиги туўралы оқыймыз. Тек масихыйлар ғана бул буйрықты орынлай алады. Не ушын? Себеби Ийсаның атанақ ағашқа шегелениўи арқалы ғана Қудай бизлерди өлимнен тирилиўге мирәт етеди. ӨЛИМНЕН ТИРИЛГЕН ИЙЕМИЗ Хош Хабардың дәслепки мақсети — исениўшилердиң сана-сезимине Ийсаның Өзин қурбан етиўи арқалы Өз перзентлерине ислеген хызмети, яғный Оның атанақ ағашта азап шегиўи ҳәм өлимнен тирилиўи арасындағы терең байланысты жеткизиў болып табылады. Хызмет етиўдиң де, өлимнен тирилиўдиң де тийкарында азап жатырғанын белгилеп өтиў ҳәм оны дәлиллеў әҳмийетли. 1. Азап шегиў — Хош Хабардың орайлық тақырыбы. Атанақ ағашқа шегелениў болмаса, өлимнен тирилиў де жоқ Хош Хабардың айтажақ ойы — Ийса Масихтың биринши болып ҳақыйқый хызмет ҳәм азап шегиў не екенин көрсеткенинен емес, ал Ол өлимнен тирилиўи арқалы мәңгилик өмирге қарай биринши болып жол ашқанынан ибарат. Ийса Масихтың өлимнен тирилиўи азап шеккен қулдың толық мәнисин түсиниўге мүмкиншилик жаратып береди. «Ол бул жерде жоқ. Өзиниң айтқанындай, Ол қайта тирилди» (Матта 28:6). Ийса Өзи шегетуғын азапларды қалай болжап айтқан болса, Өзиниң өлимнен тирилгенин ҳәм шайтан, гүна нәлети, ҳәтте, өлим үстинен ерискен жеңисин де болжап айтқан еди. 2. Ийемиз өлимнен тирилиўди биз бенен сиз ушын қол жетер қылды. Бирақ өлимнен тирилиў тек атанақ ағаштан соң ғана келеди Атанақ ағашқа шегеленген ҳәм өлимнен тирилген Ийса Масих Өз атанақ ағашын алды. Сол сыяқлы, бизлердиң де атанақ ағашымыз Оның атанақ ағашынан баслама алады. Коринфлилерге жазылған 1-хатта (15:19) елши Павел бизиң өмиримизди өлимнен тирилиўге байланыслы қылып айтады. Оның айтыўы бойынша, егер өлимнен тирилиў болмаса, онда бизлер дүньядағы ең бахытсыз адамлар болғанымыз. Не ушын? Өйткени бизлер өзлеримизди Ийемизге исениўшилердиң қыйын жағдайына салып қоямыз. Бизлер Масих ушын бул дүнья усынған азғырылыўлардан бас тартамыз. Айырымлар Павелдиң сөзлерин мақуллай алмайды, себеби бизиң өмир тәризимиз бәрқулла Масихтың өлимнен тирилиў ойы менен анықлана алмайды. Ҳәтте, егер өлимнен тирилиў болмаған жағдайда да, биз өмир сүре алған болар еди. Онда биз өзимизди Масих ушын қыйын аўҳалларға салмаған болар едик. Бирақ жуўмақлаўшы азатлығымыз анық усы нәрседен ибарат. Оған биз өзимизден кешип, өз атанақ ағашымызды алып, Ийсаның изине ергенимизде еристик. Ийса Өзиниң өлимнен тирилиў күшин бизлерге, Оның изине ериўшилерге Елиўинши күни Мухаддес Руўхты жибергенде берген еди (Ел. исл. 2:1–41 ге қараң). Оның шәкиртлери өз қорқақлығы менен белгили болған болса, енди олар Мухаддес Руўхқа толып, руўхый күш ҳәм бийликке ийе болған адамларға айланды. Ийсаның өлими менен өлимнен тирилиўине қатнасып, биз Ийсаның денесиндеги «клеткаларға» айланамыз (Ефес. 1:22–23 ке қараң). Ийса бизлерде Өзиниң Мухаддес Руўхы менен жарқырап турады. Мартин Лютер былай деген еди: «Мен өзимди ҳәм Ийса Масихты бир деп ойласам ғана, жеңимпаз масихый болып қаламан». КИЯТЫРҒАН ПАТША Ийшая пайғамбардың китабындағы 54-бап 53-баптағы хызметшиниң төртинши қосығынан соң келеди. Оның мазмуны Масихтың азапларын сүўретлеў менен үлкен айырмашылыққа ийе. 1. Ийшая пайғамбардың китабындағы 54-баптағы өлимнен тирилиў туўралы болжаў Шадлан, ҳәй, бала көрмеген нәсилсиз ҳаял! Толғатып көрмеген, сен, шадланып бақыр! Себеби таслап кетилген ҳаялдың балалары, күйеўи бар ҳаялдикинен көп болады, — дейди Жаратқан Ийе (Ийшая 54:1). Елши Павел бул аятты өзиниң Галатлыларға жазған хатында келтирип өткенде (Галат. 4:45–27 ге қараң), Жаңа Келисим жәмәәтин нәзерде тутқан еди. Аят атанақ ағаш ҳәм өлимнен тирилиўден кейин болатуғын Хош Хабардың дүньядағы салтанатлы жеңисин қуўанышлы түрде сүўретлейди. «Ийшая пайғамбардың китабындағы 53-бапта азап шеккен қулдың бийнесиниң толық мәнисин тек Ийсаның атанақ ағашқа шегеленгенин түсинип жеткенде ғана түсиниўге болады. Сол сыяқлы, 54-баптағы қуўаныш алып келиўши зүрәәтти Елиўинши күни жәмәәттиң туўылғанын түсинип жеткеннен кейин ғана түсиниўге болады. Руўхый зүрәәт қуўаныш сезимине жақын болып, ол — Хош Хабардың ўәдеси ҳәм оның тийкарында Хош Хабардың ўазы себепли Масихтың дүнья жүзлик жәмәәти жыйналады» (Патрик Джонстон (Patrick Johnstone)). 2. Аспанға көтерилип кетпестен бурын, Өзиниң соңғы буйрығында Ийса Өз шәкиртлерине Хош Хабарды пүткил дүньяға жәриялаўды буйырған еди Бул тапсырма төрт ҳүжжетте баян етилген болып, көбинесе бул бойынша Матта жазған Хош Хабар келтирилип өтиледи (28:18–20). Ийемиз дүньяға барыўды буйырып, буйрығынан бурын мына сөзлерди айтқан еди: «Маған аспанда да, жерде де пүткил бийлик берилген». Ҳәр бир адам Ийсаның аспанда пүткил бийликке ийе екенин түсинеди. Бирақ енди Ийемиз дүньяның барлық шетине Хош Хабарды жәриялаў ушын жиберип атырған Өз шәкиртлериниң кишкене топарына Өзиниң жерде де пүткил бийликке ийе екенин хабарлайды. Ийсаның тәлийматының тийкары — Оның Әкесинен алған бийлигинен ибарат. Голланд теологы Абрахам Кайпер (Abraham Kuyper) усы туўралы былай деген еди: «Жаратылған пүткил жер жүзинде Ийса Масих: „Бул Меники!“ деп айтпаған бирде бир жер жоқ». Туўысқанымыз Андрей (brother Andrew) былай деген еди: «Өзиниң пүткил бийликке ийе екени ҳаққында бул тастыйықлаў арқалы, Ийса биз ушын урыс майданын белгилеп берип, руўхый келиспеўшиликте мақсетлерди орнатқан. Ол гүна жәрдеминде шайтан услап турған адамларды мәденият, тил, ҳәтте, мәмлекетлик шегараларды қолланыў арқалы қутқарыў ушын, Өз шәкиртлерин душпан жерине жиберди». Ийса Өз шәкиртлерине дүньядағы ҳәр қыйлы халықларға барыўды ҳәм оларды Қудайдың жолына түсириўди буйыра отырып, оларға (бизлерге де) былай деп, жубаныш берген еди: «Минекей, Мен дүньяның ақырына дейин ҳәмме ўақыт сизлер менен бирге боламан!» (Матта 28:20). Жоқарыда айтылғанларды итибарға ала отырып, биз елши Павелдиң шын сөзлерине таң қалмаймыз. Ол өзиниң ең күшли қәлеўлерин билдире отырып, былай деген еди: «Қәне енди, Масихтың Өзин ҳәм Оның қайта тирилиўиниң күшин билип алсам. Оның азапларына қатнасып, өлимине шерик болсам. Солай етип, түбинде өлимнен қайта тирилиўге ериссем» (Филип. 3:10–11). БҮГИНГИ КҮНДЕГИ АТАНАҚ АҒАШ ЖОЛЫ Пүткил дүнья жүзиндеги қуўдаланған жәмәәт ағзалары Ийсаның атанақ ағашының ҳақыйқый мәнисин әлле қашан түсинип жеткен. Исеними ушын толық жигирма еки жыл қамақта отырған қытайлы шопан Аллен Юань (Allen Yuan) басынан кеширген азаплары ҳаққында гүрриң қылады. Ол ҳәр сөйлегенде, өз гүрриңин мына сөзлер менен жуўмақлайды: «Бирақ бул атанақ ағаш пенен салыстырғанда ҳеш нәрсе емес!» Ең белгили ҳәм көп адамлар жақсы көретуғын қытайлы шопан Уочман Ни (Watchman Nee) 1970-жыллардың басында азаплы өлим көрип, қайтыс болды. Оның хызметкерлериниң бири жақында былай деген еди: «Биз өзлеримизди масихыйлар, Масихтың шәкиртлери деп атайды екенбиз, онда қандай жолдан жүрип баратырғанымызды билиўимиз тийис. Масих атанақ ағаш жолы менен жүрип өтти. Бизлер де усы жол менен жүрип өтиўге таяр болыўымыз керек». Гуманитар миссияның бир хызметшиси Қубла Суданда исениўшилердиң күшли жоқшылықта жасап атырғанын көрип, тәсирленип кетти. Ол аўылдағы гейбир балалардың ҳеш қандай кийими жоқлығын, бирақ мойынларында сүйектен исленген атанақ ағаш асылып турғанын көргенин еслейди. Ол ым қағып, азып, жүдеп қалған балалардың бирин шақырып алды да, мойнында асылып турған атанақ ағашты көрсетти. Қыз аўзын кең ашып, күлди де, мойнындағы атанақ ағашты шешип алып, оны хызметшиге берди. Бул ўақыяны анализлей отырып, елши былай деген еди: «Бул ис Судандағы қыйыншылық көрип атырған жәмәәттиң жағдайының тымсалы. Ҳеш қандай мал-мүликке ийе болмай турып, суданлылар Ийса Масихтың атанақ ағашына ийе. Ийсаның жолы өлимге алып барса да, олар сол жол менен жүриўге таяр». Ҳиндистанлы елши Садху Сундар Сингх (Sadhu Sundar Singh) өз күнделигине мына сөзлерди жазған еди: «Масих ушын өлиў аңсат. Бирақ Ол ушын жасаў қыйын. Өлим азабы бир яки еки саат даўам етиўи мүмкин, бирақ Масих ушын жасаў — ҳәр күни өлиў дегенди аңлатады». Бир отыз еки жасар шопан Жоқары Мысырда жумыс ислейди. Бул аймақта масихыйларды жаўызларша қуўдалайды. Шопан Жәрдем бериў орайы, медициналық клиника, саўатсызлық пенен гүрес бағдарламасын басқарып, ҳүким етилген адамлардың хожалығын қоллап-қуўатлаў менен шуғылланады. Мусылман экстремистлери оны еки рет сабап кетти ҳәм олар оны жазалайтуғынын айтып, ҳәр күни қорқытады. Ол экстремистлердиң өзин өлтиретуғынын билсе де, өз атанақ ағашын көтерип жүриўди даўам етпекте. Мысырдан болған басқа шопан жәмәәтине келетуғын бир ҳаялдың тарийхын айтып берди. Ҳаял жылап, оған мәсләҳәт сорап келген еди. Ҳаял басқарыўшы лаўазымларға көтерилетуғын жас қәнийгелерди таярлаў менен шуғылланатуғын еди. Масихый болғаны ушын тек ҳаялдың лаўазымын ғана көтермеген еди. Шопан сөзин былай деп жуўмақлады: «Биз бул жерде, Мысырда усы атанақ ағашты көтерип жүриўге мәжбүрмиз». Бул мысаллардың мәниси бизиң өз мақсетлеримизди гөзлемейтуғынымыз, өз еркимизди орынламайтуғынымыз, ал өмиримизди Қудайдың нийетлерине сәйкес келтириўди үйренип, тек Қудайдың ғана еркине бойсынатуғынымызды аңлатады. Бизиң шабарманларымыз Ганьчжоудағы (Қытай) шопан Ламбаның үй жәмәәтин барып көрген еди. Олар сол жерде шопанның жәрдемшиси болған жигирма төрт жаслы қыз бенен танысты (мағлыўматларға қарағанда, Қытайдағы жәмәәт басшыларының жетпис пайызын ҳаяллар қурайды). Көп узамай, олар қыздың рәсмий жумыс орны жоқ екенин билди. Қытайдың барлық турғынлары өз жумыс орынларында дизимнен өтип қойыўы тийис. Ҳәтте, гейбир дүкәнларда адамлардан дизимнен өткенин, я өтпегенин тастыйықлаўшы ҳүжжет талап етеди. Қыздан рәсмий жумыс орынға ийе болмай турып, барлық ўақтын үй жәмәәтинде хызмет етиўге бағышлаў қәўипли емес пе, деп сорағанда, ол: «Атанақ ағаш жолы усындай болады», — деп жуўап берген еди. Ал Қубада бизиң миссиямыздан Мухаддес Китаптың испан тилинде жазылған көп нусқасын алған бир шопаннан бизлер: «Сиз бизлер менен ислесе турып, өзиңизди қәўип астына қоймақтасыз, солай емес пе?» — деп сорағанымызда, ол қолын көксине қойып: «Мен өзимди қәўип астына қойып атырман ба? Қандай қәўип? Мен Ийса Масихты Өз Қутқарыўшым деп қабыл етип, жәмәәт хызметшиси болғанымда, өзимди қәўип астына қойғанман. Егер олар мени атып таслағысы келсе, жүдә жақсы. Онда мен тезирек Қудайдың даңқына қатнасаман», — деп жуўап берген еди. Әкеси сиясий («қопарыўшылық) ислери ушын бес жыл қамақта отырған Кубадағы басқа медотист шопан әкесиниң өз хожалығын Майамиге (АҚШ) көширип жибериўди әрман еткенин айтып берди. Бирақ шопан Кубада жасаў — бул көтерип жүриўи тийис болған атанақ ағашы екенин шешкен еди. Әкеси улын ескертип, бундай өмир оған қымбатқа түсетуғынын айтты. Ҳақыйқаттан да, болажақ шопанның семинарияда билим алыўы тосаттан үзилип қалып, оны мийнет лагерине жиберген еди. Ол сол жерде жолдан шыққан жынаятшылар арасында өз мүддетин өтиўге мәжбүр болды. Ол ҳәм басқа жети масихый түнлерде қант қамыс өскен атызда дуўа етиў, Мухаддес Китапты оқыў ҳәм бир-бирин қоллап-қуўатлаў ушын ушырасып туратуғын еди. «Мен семинарияда емес, ал сол лагерьде шопан болдым», — деп еске түсиреди ол. Белгили дин тәлийматшысы Томас Оден (Thomas Oden) 1994-жылдың басында Кубада болған еди. Ол былай деп гүрриң етеди: «Елдеги жасаў жағдайлары жақсыланғанына қарамастан, масихый болыў Кубада бурынғыдай қәўипли. Ол жерде адам өзин қәўип астына қоймай турып, гүўалық бере алмайды. Сонлықтан кубалылардың көпшилик бөлеги азап шегиўге таяр. Суўға шомылдырылыў рәсиминен өтиў, ҳәтте, Қудайға хызмет етиўдиң өзи қайғылы ақыбетлерге таяр болыўды талап етеди. Бундай жағдай жәмәәтке өзиниң баслы мәселелерин түсинип жетиўге жәрдем береди. Ал кубалы исениўшилер биринши гезекте өзлериниң өлимнен тирилген Ийеси алдында ғана жуўапкершиликке ийе екенин түсиниўди үйренеди». Топарлардағы сабақлар Талқылаў ушын сораўлар: 1. Азап шегиўши қул туўралы қосықтан келип шығып, сиз Ийсаның өлимин ҳәм Оның өлимнен тирилиўин қалай түсиндире аласыз? 2. Азап шегиўши қул туўралы қосық қайсы сөзлердиң жәрдеминде Қудайдың кеширими менен сүйиспеншилигине деген исеним береди? 3. Төмендегилер сиз ушын нени аңлатады: а) өзинен кешиў, б) ҳәр күни өз атанақ ағашын алып жүриў ҳәм в) Ийсаға ериў? (Лука 9:23 ке қараң). 4. Биз қалайынша Мухаддес Руўхтың күшинен бәрқулла илҳамланып жүре аламыз? 5. Масихтың бийлиги ҳәм Оның бизлер менен бирге болыўды ўәде еткени бизлердиң бойсыныўымызға ҳәм Оның соңғы тапсырмасын орынлаўымызға қалай тәсир етеди? Оқың ҳәм есте сақлап қалың: Ийса Масих — бул дүньяда болған адамлар ишиндеги ең уллы тулға. Ол — Қудайдың Улы. Ол — гүнакарлардың Қутқарыўшысы. Ол азап шекти ҳәм Ол қутқарады да. Ол қорғайды ҳәм Ол баслап жүреди де. Ол азғырылыўға түсип атырғанларға ҳәм сыналып атырғанларға жәрдем береди. Ол ҳәлсизлерге күш береди. Ол аўырыўларды шыпалайды. Ол жәбир шеккенлерди жақлайды. Ол жасларды жарылқайды. Ол қартайған адамларға ғамхорлық көрсетеди. Ол инталы адамларды сыйлықлайды. Ол кишипейиллерге жубаныш береди. Ол — даналық ғәзийнеси. Ол — қутқарылыў жолы. Ол — ҳақлық ҳәм мухаддеслик жолы. Жол-жорықлар: Келеси еки бапты оқыўдан алдын Петрдиң биринши бабына қараң. Екинши бап Бизиң теңи-тайы жоқ шақырылыўымыз Өйткени Қудай сизлерди усы ушын шақырды. Масихтың Өзи сизлер ушын азап шегип, Оның изинен жүриўиңиз ушын өрнек көрсетти. Петрдиң 1-хаты 2:21 Ленинградтағы бурынғы дин тарийхы ҳәм атеизм музейинде салқын урыс ўақтында, музейге келиўшилер дәрҳал дүньяның эволюциялық раўажланыўының гүўалықлары көргизбесине тап болатуғын еди. Және де, ол жерде динге арналған бөлимлер болып, оларда масихыйлықтың тарийхы тек жаман тәрептен сәўлеленген еди. Мысалы: азап ҳәм атанақ ағаш жүрислери ҳаққында сөз етилген еди. Көргизбеге қойылған затлардың орайлық жеринде үлкен атанақ ағаш асылып турған еди. Музей экскурсоводлары бул «экспонатты» былайынша түсиндиретуғын еди: «Масихыйларға азап шегиў унайды. Олардың басшысы Ийса Масих атанақ ағашта өлгеннен бери, оларға өзлерин қуўдалап атырғандай болып көрине береди!» Бизлер өзлеримизде бундай сезимлерди раўажландырыў нийетинде емеслигимиз анық. Деген менен, Мухаддес Китап бизлерге, яғный масихыйларға Ийемиз ҳәм Устазымыздың изинен жүриўимиз кереклигин еслетеди. Ийсаның Өз шәкиртлери менен болған соңғы сәўбети ўақтында, Ол шәкиртлерин олардың ўазларын дүнья қалай қабыл ететуғынын ескерткен еди. Ийса Өзиниң жақын шәкиртлерине түсиндирип (Юхан 15–17), шақалардың жүзим ағашы менен байланыста болғаны сыяқлы, олардың да Өзи менен байланыста болыў кереклигин айтқан еди (Юхан 15:5). Және де, Ийса Өзиниң оларды сүйгени ҳәм олар ушын жанын қурбан етиўге таяр болғаны сыяқлы, шәкиртлерине де бир-бирин сүйиў кереклигин еслетти. Сол ўақытта шәкиртлер Ийсаның сөзлерин түсинбеген еди, бирақ Оның болжаўы ертеңине-ақ орынлады. Кейин Ийса масихыйлардың туўысқанлық сүйиспеншилиги менен бул дүньядағы жек көриўшиликти былай деп салыстырған еди: Егер дүнья сизлерди жек көрсе, сизлерден алдын оның Мени жек көргенин билиңлер. <…> Себеби олар Мени Жибергенди билмейди (Юхан 15:18–21). Кейин ала сол сәўбетте Ийемиз былай деген еди: «Ҳәтте, сизлерди өлтирип атырған ҳәр бир адам буның менен Қудайға хызмет етип атырман, деп ойлайтуғын ўақыт келеди» (Юхан 16:2). Ийса шәкиртлериниң Өзи сыяқлы азап шегетуғынын нәзерде тутқан еди. Ҳәр бир адамға өз өмиринде қыйыншылықларды бастан кешириўге туўра келеди. Бул аўырыў арқалы келетуғын физикалық азап ямаса жақын адамлардың өлими болып, дослардың сатқынлығы яки жалғызлық себепли ҳәлсизлик ҳәм қайғылар келиўи мүмкин. Биз қалай болмасын азаптан қашып қутылыўға тырысамыз. Бәлким, анық усы себепке байланыслы, масихыйлар бул мәселени қозғамаўға ҳәрекет ететуғын шығар. Деген менен, Мухаддес Китап исениўшилер ушын азап шегиў сөзсиз болатуғынын анық ескертеди. Базы масихыйлар биз Масихқа тийисли болғанымыз себепли Ол бизлерди ҳәр қандай жаўызлықтан ҳәм барлық азаплардан қутқарады деп ойлайды. Негизинде, Мухаддес Китапта айтылыўынша, масихыйлар ҳәмме адамлар басынан кеширетуғын азаптан қашып қутыла алмайды. Буннан тысқары, олар Масихқа деген исеними ушын қуўдалаўларға да дуўшар болады. Бул мәнисте Петрдиң 1-хаты айрықша қунлыққа ийе. Усы сабақта биз Мухаддес Жазыўдан алынған үзиндилерден тысқары, аты аталған хаттан да үзиндилер келтирип өтемиз. Келиңлер, бир ойланып көрейик: дүньяда масихыйлар қандай орынды ийелейди? Шайтан — бул дүньяның ҳәкими. Ал бизлер болса, ең жақсы ўатанымызға қарай умтылып жасап атырған жат жерли ҳәм келгиндилермиз (Еврейлерге 11:8–16 ға қараң). Бизлер өзлеримизди жат жерли ҳәм келгиндилермиз деп есаплаўымыз тийис (Петр. 1-х. 2:11 ге қараң). Бүгин дүнья жүзинде көп санлы сиясий қашқынлар бар. Көп еллерде бундай адамлар ушын лагерьлер шөлкемлестирилген. Қашқынлар қоныс басыў ушын жер таппағанша, өзлери бурын жасаған жерлерине қайтып бара алмайды. Ҳақыйқаттан да, олардың аўҳалы аянышлы, бирақ олардың өзлери тәғдирин жақсы тәрепке қарай өзгертиўге қарар еткен еди. Олар жақсы келешекке үмит етип жасайды. Масихыйлардың аўҳалы көп тәреплеме қашқынлардың аўҳалына уқсас. Адам гүна дүньясын таслап, бурынғы өмирден ўаз кешиўи арқалы, аспандағы Патшалықты излеўге кириседи. Сонлықтан артта, бурынғы дүньяда қалған адамлар бул адамды қабыл етпеўи таң қаларлық нәрсе емес. Ол Ийса Масихтың салтанатлы түрде келиўине үмит байлап жасайды-ғо! Егер масихый өзин исениўши сыпатында дүнья жек көретуғыны туўралы Ийсаның ескертиўлерине қулақ аспаса, онда азап келгенде, ол исениминен тез түңилип қалыўы мүмкин ҳәм сонда шайтан оның соңғы күшлерин тартып алады. Тимофейге жазылған 2-хатта (3:12) былай делинген: Ҳақыйқатында, Масих Ийсаға тийисли болып, Қудайдың жолы менен жасаўды қәлеўшилердиң ҳәммеси де қуўдаланады. Қуўдалаўлардың бир неше түри бар. Негизинде, қуўдалаўлар (хорлықлар, басым, кемситиў) психологиялық мәниске ийе. Бирақ олар жийи-жийи қәўип, қорқытыў, шығын, ҳәтте, күшли физикалық зорлыққа айланып кетеди. Лука жазған Хош Хабарда (6:22) Ийса қуўдалаў мәнисине жек көриў, шетлетиў, хорлық ҳәм қабыл етилмеў киретуғынын айтады. Биз қамаққа тасланған, таяқ жеген ҳәм жазалаў тәртибине ийе еллерде қаза тапқан масихыйларды умытпаўымыз тийис. Сол себептен, биз китабымызда, қуўдалаўлардың усы түрлерин қарап шығамыз. АЗАП ШЕГИЎДИ ҚӘТЕ ТҮСИНИЎ Қуўдалаўлар ҳәм олар менен байланыслы болған азап шегиў ҳаққында сөз етпестен бурын, бул мәселени түсиниў бойынша масихыйлар жиберетуғын кең тарқалған айырым қәтелерди қарап өтиўге туўра келеди. 1. Қуўдалаўлар ҳәмме ўақытта да гүна ушын жаза емес Көп адамлар қыйыншылықлар қандай да бир гүнаның ақыбети деп ойлайды. Солай ислеўи арқалы олар қыйыншылық ҳәр бир адамның (оның мухаддес ямаса гүнакар болыўына қарамастан) өмириндеги ажыралмас бөлек екенин толық бийкарлайды. Деген менен, әдил жаза ҳаққында Мухаддес Китап тәлийматы ҳақыйқат. Себеби адам не ексе, соны орады (Галатлыларға 6:7–8 ге қараң). Апатшылық да гүнаның ақыбети сыпатында келиўи мүмкин. Буннан тысқары, Қудай жолдан шыққан перзентин Өзине қайтарыў ушын қыйыншылыққа жол қойыўы мүмкин (Еврейлерге 12:3–12 ге қараң). Бирақ егер исениўши адам өзи алдында ҳадал болса, онда қыйыншылық гүнаның, я «Ийса Масихтағы ҳадал өмирдиң» ақыбети, я бул дүньяда жасаўшы адамның тәбийғый жағдайы екенин биледи. Және де, егер исениўши өз қыйыншылықларының себебин билсе, онда басқа адам бул ҳаққында ҳүким ете алмайды. Аюп китабында ҳақ болыўына қарамай, азап шеккен адам мысал етип көрсетилген. Соның менен биргеликте, оның дослары бул аўҳалды қәте баҳалады. Бизиң өмиримизге ҳәр қыйлы бахытсызлықлар келгенде, егер буның ислеген гүналар ушын Қудайдан келген жаза емес екенлигине исенимли болсақ, оларды бастан кешириў аңсатырақ болады. Юханның биринши хатында (3:18–21) былай делинген: «Перзентлерим, тек сөз ямаса тил менен емес, ал ис ҳәм ҳақыйқатлық пенен сүйейик. Ҳақыйқатқа тийисли екенимизди усы арқалы билемиз. Егер кеўлимиз бизлерди айыплап атырған болса да, Қудай алдында кеўлимиз тыныш болады. Өйткени Қудай кеўлимизден уллы ҳәм Ол ҳәмме нәрсени биледи». Петр де бизлер исениўшилер сыпатында өзеримиз шегиўге ылайықлы болмаған азапларды бастан кешириўимиз кереклигин анық айтады (Петр. 1-х. 2:19; 3:14 ке қараң). 2. Азап шегиўшилер қапа болып, қайғырса болады Азап келгенде, исениўшилер қайғырып, қапа болмаўы керек деген ойдан бизлер ўаз кешиўимиз керек. Исениўши бәрқулла қуўаныштан жарқырап жүриў керек деген пикир Мухаддес Китапқа тийкарланбаған. Ийса достысы Лазар қайтыс болғанда жылаған еди. Деген менен, Ол Лазарға қарағанда, Мәриям менен Мартаның қайғысына көбирек қыйналған болса керек (Юхан 11:33–35 ке қараң). Павел әсиресе бизге «жылап атырғанлар менен бирге жылаўды» буйырады (Рим. 12:15). Петр азғырыўлардың қайғы әкелетуғынын мойынлайды (Петр. 1-х. 1:6 ға қараң). Бирақ, ол азап шеккенине қарамай, исениўшилерди қуўаныўға шақырады. Өйткени Масих ушын азап шегиў — бул жарылқаўға ийе болған артықмашылық (Петр. 1-х. 3:12–19 ға қараң). Деген менен, бундай ишки қуўаныш биз бастан кеширип атырған азапты бәрқулла азайта алады деп ойламаўымыз керек. 3. Тек мухаддес адамлардың емес, ал әпиўайы масихыйлардың өмири де азапларға толы Қәте пикирлердиң және бири — бул Ийса ушын тек «мухаддеслер» ғана азап шегеди деген пикир болып табылады. Бул пикир исеними ушын азап шегип атырған масихыйлар ушын мақтаныш болыўы ҳәм еле исеними ушын азап шегиўге шақырылмағанларда руўхый жеңилис сезимин оятыўы мүмкин. Ҳирод Яқып ҳәм Петрди қамаққа алды, Яқыптың басын кестирди, ал Петр тири қалды. Бирақ бул Яқып руўхый жақтан күшлирек болды дегенди аңлата ма? Юхан өз өлими менен өлген жалғыз елши болды. Деген менен, бул ол руўхый жақтан төмен болды дегенди билдире ме? Ҳәр бир исениўшини Қудай Өз ерки ҳәм нийети бойынша пүткиллей өзгеше жол менен алып жүреди. Бизлер Қудай менен, Мухаддес Руўхтың басқарыўында жүрсек, онда исеними бир туўысқанларымыз арасында тәғдири ҳәр қыйлы болған адамларды көремиз. Келиңлер, ҳәр биримизге деген дыққаты ушын Қудайға миннетдаршылық билдирейик! 4. Азапларда өзине тартатуғын ҳеш қандай ҳеш нәрсе жоқ Жаңа ғана аты аталған және бир қәте — азапларды алғыслаў болып табылады. Азапларды басынан кеширген исениўшини усындай надурыс қатнас ақыбетинде көклерге көтерип мақтап, мухаддес деп есаплайды. Бирақ бизлер ҳәммемиз де Қудайдың хызметшилеримиз. Бизлер ҳәр биримиз Қудайдың еркин орынлаўымыз, бирге қуўаныўымыз ҳәм «қаҳарманларға табыныўдан» аўлақ болыўымыз керек (2-қосымшаға қараң). Бизлер азапларды мақтаў ҳәм оларды өзлеримиз излеўден аўлақ болыўымыз тийис. Ҳеш қашан да азап шегиўди өзимиз излеп жүрмеўимиз, егер бизлер ушын сынақ ўақты еле келмеген болса, оннан бас тартпаўымыз да керек. 5. Қуўдалаўлардан қорқпаў керек Шайтанның жүректи суўлататуғын қорқыныш жибериўине жол қойып, гейбир масихыйлар қәте қылады. Бирақ бул қуўдалаў мәселесине жеңил қараў дегенди аңлатпайды. Солай болса да, биз Қудайдың ерки менен басымызға түсетуғынларға шыдаўымыз ушын Қудай жетерли күш беретуғынына исениўимиз керек. Масихыйлар жийи-жийи қуўдалаўлардың өзинен емес, ал қуўдалаўлардың болатуғынынан қорққаны себепли азап шегеди. Шайтан бизлерди өтмиш ушын азап шегиўге ҳәм келешек ушын қайғырыўға мәжбүр етпекши болады. Деген менен, Масих бизге бәрқулла мийрим береди. Вьетнамдағы бир шопан елшилер менен тығыз жумыс алып барған еди. Ҳүкимет басына коммунистлер келиўи менен, ол елден шығып кететуғын болып шешилген еди. Кететуғын күн келгенде, ол: «Мен кете алмайман, себеби өз халқыма керекпен», — деди. Арадан бир неше күн өткенде, оны хожалығы менен қосып, елден шығып кетиўшилердиң басқа дизимине киргизгенде, ол және: «Ана адамларды алып кетиңлер, мен ҳәм мениң ҳаялыма қарағанда, олар көбирек қорқады», — деди. Келеси күн ол елди қалдырып кетиўи мүмкин болған соңғы күн еди. Бирақ ол: «Бизлер кете алмаймыз. Қудайдың ерки орынлансын», — деди. Оған азап шегиўге туўра келди, бирақ ол өз Ийесине садық қалды. Ертедеги жәмәәт ақсақалларының бири Тертуллиан былай деген еди: «Азаптан қорқатуғын адам Азап шеккенге тийисли бола алмайды». 6. Азап шегиў руўхый жеңилистиң белгиси емес Көп масихыйлар азап шегиўди жаман қубылыс деп санайды. Олар шәкирт болыўдың қымбатлы екенине қарағанда, жарылқаў ҳәм гүллениў ҳаққында үлкен қанаатланыўшылық пенен сөз етеди. Және де, олар масихыйлыққа хызмет етиўден гөре, оннан қандай «пайда» алыў кереклигине көбирек дыққат аўдарады. «Егер исенимиңиз жеткиликли болса, онда сиз қуўдалаўлар менен азаплардан қашып қутыла аласыз», — деп тастыйықлайды жалған тәлийматлардың бири. Еврейлерге жазылған хаттың 11-бабына итибарымызды жәмлейтуғын болсақ, ол бул өтирикти ашып көрсетеди. Мухаддес Китапта Масих ушын азап шегиўге руўхый жеңилистиң белгиси деп қарамаў кереклиги айтылған. Керисинше, ол — жеңис белгиси. Лука жазған Хош Хабарды оқып көриң (6:22–23). Келиңлер, Қудайдың жарылқаўын алыў ушын, биз азап излемейтуғынымызды атап өтейик. Бирақ, биз қуўдалаўларға ушырағанымызда, олар менен бирге келетуғын жарылқаўларды да күтсек болады. МУХАДДЕС КИТАП АЗАП ШЕГИЎ ҲАҚҚЫНДА НЕ ДЕЙДИ? Ал енди биз азап шегиў ҳаққында масихыйлар арасында кең тарқалған жалған түсиниклерди изертлеп болып, Мухаддес Китаптың азап шегиўге деген көз қарасы қандай екенин қарап шығайық. 1. Масихыйлар азап шегеди Биз қуўдалаўлар ҳәм азап шегиў масихыйлардың тәғдирине жазылғаны туўралы Мухаддес Китапта оқыдық. Қудайдың сөзин жәриялаўшы базы адамлар бул туўралы айтылған ўаз исенимге келгенлерди исенимнен қайтарыўы мүмкин деп есаплайды. Дыққат аўдарың: Павел өзиниң Киши Азия бойлап қылған сапарлары ўақтында исенимге жақында келгенлерге: «Қудай Патшалығына кириўимиз ушын, көп қыйыншылықлардан өтиўимиз тийис», — деген еди (Ел. исл. 14:22). Павел оларға азап шегиўден қашып қутылыў мүмкин емеслигин түсиндире отырып, оларды келешекте ҳақыйқаттан болатуғын ўақыяларға таярлады. Сол сыяқлы, бизлер де буған таяр болып барыўымыз тийис. 2. Қудай азапларға жол қояды Бизлерге масихыйлардың азап шегетуғыны айтылғанлықтан, биз азапларды Қудайдың ерки деп қабыл етиўимиз керек. Петр бул ҳаққында өзиниң биринши хатында (2:19) ашық айтып былай деген еди: «Егер ким де ким наҳақ азап шеккенде, Қудайды ойлап, азапларға шыдаса, бул Қудайға унайды». Петрдиң биринши хатында (3:17) биз және мыналарды да оқыймыз: «Жақсылық етип азап шегиў Қудайдың қәлеўи болса, бул жаманлық ислеп, азап шегиўден жақсырақ». Даўам етип сол хатта (4:19) Петр бул теманы былайынша жуўмақлайды: «Сонлықтан Қудайдың еркине бойсынып, азап шеккенлер жақсылық ислеп, жанларын исенимли Жаратқанға тапсырсын». Павел буны бизлерге Қудайдан денесиндеги тикенди алып таслаўды өтинип, үш рет дуўа етиўи арқалы үлги етип көрсетти. Бирақ кейин ол буның Қудайдың ерки екенин түсинип, бул сынақты қашып қутыла алмайтуғын нәрсе сыпатында қабыл етти (Коринф. 2-х. 12:7–10 ға қараң). Көп масихыйлар жеңилисти азап сыпатында қабыл етеди. Өйткени олар Қудайдың еркин орынлап атырғанына исенимли емес ҳәм сонлықтан Оның ерки бойынша азап шегип атырғанын анық билмейди. Егер биз Мухаддес Китапты Қудайдың еркин билиў ушын изертлемесек, бул мәселеде қәтелесиўимиз мүмкин. Биз уллы Қудайымыздың еркине сай «Қудай Өзин сүйгенлерге, яғный Оның қәлеўи бойынша шақырылғанларға ҳәмме нәрсени жақсылық қылып хызмет еттиретуғынын» билиўимиз тийис (Рим. 8:28). Егер биз Қудайдың еркине түсинип турып бойсынсақ, Қудай бизлерди Өзи басқарады. Биз өз еркимиз бенен Оның қолына өз азап ҳәм қайғыларымызды тапсырыўымыз тийис. Исениўшилер екиленип азапланбаўы керек. Биз барлық ислеримизди Ийемизге тапсырыўымыз лазым (Сулайм. ҳикметлери 16:3 ке қараң). 3. Қудайдың ерки бойынша азап шегиў анық мақсет ҳәм мәниске ийе Биз Қудайдың ерки бойынша азап шексек, онда бизиң азапларымыз анық мақсет ҳәм мәниске ийе. Тез-тез азап шегетуғынлар буны түсине алмайды. Сондай ўақытта олар Қудайдың мақсетин ҳақыйқат деп исеним менен қабыл етиўи керек. Мухаддес Китапта Қудай Өз халқына басынан кешириўге жол қоятуғын азап ҳәм қуўдалаўлардың бир неше себеби атап өтилген: • исенимди сынаў ҳәм тазалаў ушын (Петр. 1-х. 1:6–6–7; 5:10; Рим. 5:3–4; Яқып 1:2–4 ке қараң); • Павелдиң өмиринде болғанындай, менменликти сындырыў ушын (Коринф. 2-х. 12:7–10 ға қараң). • өмиримизди еле де мухаддес қылыў ушын (Евр. 12:3–10 ға қараң); • туўысқанларға руўхый күшке толып-тасыўда жәрдемлесиў ушын (Филип. 1:14 ке қараң); • ҳәзир бизлерге белгисиз болған мақсетлерди орынлаў ушын (Коринф. 1-х. 3:12); • бизлерге бирлик бериў ушын (Юхан 17:23 ке қараң). Бундай бирлик үлкен руўхый күш береди (Ел. исл. 2:42–47 ге қараң). Айырым еллерде, мысалы: Иранда қуўдаланыўлардан бурын жәмәәтте бөлиниў пайда болды. Қуўдалаўлар ўақтында, масихыйлар бирлесиўге мәжбүр болды. Нәтийжеде олар исенимде беккемленди ҳәм исениўшилердиң саны да өсти; • адам жанларын қутқарыў бойынша үлкен жемис бериў ушын (Ел. исл. 8:1–4 ке қараң). Көп еллерде масихыйларды қуўдалай баслағанда, жәмәәттлердиң көбейип кеткенин бәрқулла байқаўға болады. Бир адам былай деген еди: «Егер биз Елшилердиң ислери китабында (1:8) берилген буйрықларды орынламасақ, онда Қудай өмиримизде усы китапта (8:1) баян етилген ўақыялардың болыўына жол қояды!» 4. Бизге «ерксиз исленген жаманлық» ушын азап шегиўге туўра келмейди Бизге «ерксиз исленген жаманлық» ушын азап шегиўге туўра келмейтуғыны ҳаққында биз келтирип өткен Мухаддес Жазыўдың көп жерлеринде Павел сөз еткен еди. Егер биз ҳақ бола тура ҳәм Ийсаның аты ушын азап шексек, онда жарылқанатуғынымыз ҳаққында Ийса айрықша атап өткен еди (Матта 5:10–11 ге қараң). Ҳүкиметтиң руўхый өмирди қадағалаўына қарсылық көрсете отырып, биз гейде бар болған нызамларды бузамыз. Әлбетте, бундай жағдайларда биз жуўап бериўге мәжбүрмиз. Себеби ҳүкимет ўәкили «қылышты бийкарға көтерип жүрген жоқ» (Рим. 13:4). Буннан тысқары, азапты өзимиз «сатып алатуғын» жағдайлар да болады. Өзлеримизди қоршаған дүньяда жасаўшы адамларға деген қатнаста мийримсиз ямаса әдепсиз болыўға болмайды. Басқа динлер туўралы жаман пикирлер айтыўға яки Қудайға хызмет етиў жыйналысларын алып бериўши бәлент даўыс пенен сөйлеген радиоларды көшеге орнатыўға ямаса жәмәәт сыртындағы адамлардың дыққатын өзине тартатуғын жыйналысларды өткизиўге я қарым-қатнаста әдепсиз сөзлерди қолланыўға болмайды. Булардың ҳәммеси исениўшилер жәмәәти менен исениўши адамларға деген душпанлық сезимлерин оятыўы мүмкин. 5. Ҳақыйқат ушын азап шегиў — жарылқаў болып табылады Бул жарылқаў ишки тынышлық ҳәм қуўанышқа ийе болыўы мүмкин. Оларда ғана «бахытлылық буйрықлары» (Матта 5:1–12 ге қараң) деп аталған Ийсаның тәлийматындағы «жарылқанған» ямаса «бахытлы» деген сөзлердиң мәниси бар. Петрдиң усылар ҳаққында айтқан Мухаддес Жазыўдағы үзиндилерди биз атап өткен едик (Петр. 1-х. 2:19–20; 3:14; 4:14 ке қараң). Жаңа Келисимниң басқа авторы болған елши Яқып басым ямаса қуўдалаў негизинде жарылқаўдың жасырын түри екенлигин ҳәм оған қуўаныш пенен жуўап бериў кереклигин айтқан еди (Яқып 1:2–3 ке қараң). 6. Азап шегиўлер бизлерди аспан рәҳәтине бағдарлайды Азап шегиўлер менен қуўдалаўлар бизиң жүреклеримизди ҳәм ақылымызды өзлеримиз ушын аспанда ашылатуғын рәҳәтке умтылдырады. Азап шеккенлерге Ийса аспанда үлкен сыйлық ўәде етеди (Матта 5:12 ге қараң). Ал Павел келешектеги рәҳәт пенен салыстырғанда, ҳәзирги азаплар ҳеш нәрсе емес екенлигин айтқан болып (Рим. 8:17–18 ге қараң), Петр де оның сөзлерин мақуллаған еди (Петр. 1-х. 1:6–7; 4:13; 5:1–10 ға қараң). Ҳәзир руўхый «қашқынлар» сыпатында жасаған исениўшилер мәңгилик үйди үмит пенен күтеди. 7. Қуўдаланғанлар Ийсаның азапларын бөлиседи Азап шеккенде, исениўшилер Ийсадан өрнек алады (Петр. 1-х. 2:21–25 ке қараң). Ҳақыйқатында, биз Оның азапларына шерикпиз (Рим. 8:17; Филип. 3:10; Петр. 1-х. 4:13 ке қараң). Ийса шеккен азаплар бизлер шегетуғын азаплар сыяқлы алдын ала болжап айтылған еди. Дүнья бизлерди қабыл етпей атырғаны сыяқлы, Ийсаны да қабыл етпеген еди. Ийса хорланды, Оның денеси қыйналды ҳәм Ол өлимди басынан кеширди. Солай екен, Оның избасарлары болған бизлер гүнакар дүньядан жақсы қатнасты күте аламыз ба? Қытайдан қашып шыққан бир шопан журналистке Қызыл Армияның өзине «күтилгендей» қарым-қатнаста болғанын айтып берген еди. Шопанның пүткил жүзин тыртық басқан еди. Сонда журналист шопанға еле де анығырақ сораўларды бере баслағанда, шопан былай деп жуўап берди: «Олар маған өзим күткендей қарым-қатнаста болды, ақыры олар мениң Ийемди өлтирген еди-ғо!» 8. Азап шеккенде, жеңиске ерисиўге болады Бизлер жүдә әҳмийетли болған бир ҳақыйқатты билиўимиз тийис. Рәҳәттиң негизи исеним болып табылады. Аюптың өмиринде болған ўақыяны еске түсириң. Ол наҳақ азап шегип атырман, деп ойлаған еди. Оның дослары менен болған тартыслары ҳеш қандай нәтийже бермеген еди. Ақыры ол Қудайдан үмит етти (Аюп 19:23–27 ге қараң). Кейин Аюп дүньядағы азаплардың мәниси туўралы ойлана баслады. Өз сораўларына жуўап таба алмағанлықтан, ол ҳәмме нәрсени билиўши ҳәм қүдирети күшли Қудайға бойсыныўға мәжбүр болды (Аюп 42:1–6 ға қараң). Петр азап шегип атырған исениўшилерге «өз жанларын» Қудайға тапсырыўды мәсләҳәт етти (Петр. 1-х. 4:19 ға қараң). Биз Қудайға исенемиз, өйткени Ол Өз күшин бизиң ўақытша қәлеўлеримиз бойынша емес, ал Өз еркине сай бағдарлайды. Биз өзимиз ушын ең жақсы нәрселерди таярлап қойған ҳәм Өзин сүйгенлерге ҳәмме нәрсе жақсылық болып хызмет ететуғынын ўәде қылған Қудайға исенемиз (Рим. 8:28 ге қараң). Қудайда бизлерди қутқарыў бойынша жоба бар ҳәм биз Оның тәлийматына қулақ асыўымыз арқалы Оның аты алғысланыўы ушын, Ол бизлерде ҳәрекет етеди. Усындай исеним менен биз өмирдеги барлық қыйыншылықларды жеңе аламыз. Бизлерге азап шегиўге туўра келетуғынын Ийса ескерткен еди, бирақ соның менен биргеликте Ол бизлерге рәҳәтти де ўәде еткен (Юхан 16:33 ке қараң). Және де, Ол бизлерге Жубатыўшыны, яғный Мухаддес Руўхты ўәде еткен. Аяўсыз қуўдалаўларды басынан кеширген адамлардың гүўалықлары Ийсаның Мухаддес Руўхты не ушын Жубатыўшы деп атағанын көрсетеди. Бирақ есте сақлаңлар, исеним Қудайдың сөзинен қуралады. Биз аўыр ўақытларда Қудайдың Өз сөзинде берген ўәделерин есте сақлаўымыз ушын, оларды билиўимиз тийис. Егер бизиң исенимимиз беккем болса, онда биз азапларды ылайықлы түрде бастан кеширемиз. Бизиң турақлылығымыздың сыры машқалалардың жоқлығы ҳәм гүллениўден емес, ал қуўдалаўларды даналық пенен қабыл етиўден ибарат болып табылады. Коринфлилерге жазылған биринши ҳәм екинши хатларда Павел Масихтағы өмири ҳаққында сөз етеди. Ол тынышлық, үнлеслик, қолайлықлар ҳәм атақ-абырайлы өмир ҳаққында айтпайды. Керисинше, ол қыйыншылық ҳәм қабыл алынбаўларды, ҳәтте, руўхый түскинликти басынан кеширеди. Солай болса да, ол барлық сынақлардан ылайықлы түрде шығады. Себеби бизлер өзимизде, өзимиздиң ылай ыдысларымызда аспан ғәзийнесин, яғный Ийса Масих ҳәм Оның хабарын алып жүрмиз (Коринфлилерге 2-х. 4:7 ге қараң). Усы метафоралық ылай ыдыслар Қудайдың жеңисине еристиреди. Биз буны қанша тезирек тән алсақ, өзимизди сонша тезирек Оның мақсети менен сәйкес қыла аламыз ҳәм тезирек «жеңимпаз» бола аламыз. Анық сол сыяқлы, биз де бир-биримизге денелик көз қарас пенен емес, ал Масихтағы жаңа жаратылысқа, аспан ғәзийнесин, яғный Ийсаны алып жүрген ҳәлсиз ылай ыдысларға қарағандай қарасақ, руўхта исенимли жеңиске ерискенимизди билемиз. Азаплар ҳаққында сөз етилген Мухаддес Китап ҳақыйқатларында масихыйлар түсиниўи керек болған еки негиз бар. Бириншиден, азаплар Қудайдың ерки менен болып атырғанына исениўимиз тийис. Сонда биз өмиримизде не болғанына қарамай, ҳәммесин қабыл ете аламыз (Рим. 8:12–25 ке қараң). Екиншиден, ҳәтте, ҳәлсиз ыдыс болған бизлер қыйын жағдайларда абырайлы түрде төтепки бере аламыз. Өз жүреклериңизди бул бойынша беккемлеңлер, сонда исенимиңиз тайсалмас болады! Бәрқулла есте тутыңлар: Ийса Өз халқы арасында жасайды! БҮГИНГИ КҮНДЕГИ АЗАП ШЕГИЎЛЕР ҲӘМ ҚУЎҒЫНЛАР Ҳәзирги заманда масихыйлар ҳәр түрли қайғылар менен қуўғынларға дуўшар келеди. Урыс себепли бөлинип кеткен Суданда исениўшилер зорлық ҳәм жасалма түрде пайда етилген ашлықтан азап шегеди. Олардың көпшилиги қуллықта жасайды. Иран, Қубла Судан ҳәм Арқа Ирак сыяқлы еллерде масихый жетекшилерди жоқ қылыўға ҳәрекет етеди, ал Сауд Арабстанында масихыйларды қамаққа салады, азаплайды ҳәм халық алдында өлтиреди. Чьяпада (Қубла Мексика) отыз бес мыңнан аслам масихый тек масихый болғаны себепли ғана нызамсыз түрде өз үйлеринен қуўып шығарылған. Олардан мың адам аяўсыз зорлыққа ушыраған ямаса өлтирилген. Ал көпшилигиниң үйлери тып-тыйпыл қылынып, жағып жиберилген. Перу, Қытай, Судан, Қуба, Вьетнам, Лаос ҳәм дүньяның көплеген еллеринде масихыйларды диний ислери ушын қамаққа таслайды. Бундай ислерге нызам тәрепинен қадаған етилген, Қудайға хызмет етиў жыйналысларын өткизиў жатады. Индонезияда жүзлеген жәмәәтлер жағып жиберилген ҳәм Амбон атаўының өзинде көплеген исениўшилер мусылман экстремистлериниң қолынан азаплы өлим көрди. Непалдағы масихыйлар гүресшең индуистлердиң масихый жәмәәтлердиң тез өсип баратырғаны себепли усы елдиң ҳүкиметине өтиниш етип, шешиўши илажларды қолланыў бойынша берген көпшиликтиң арзасы себепли тәшиўишленбекте. Непал миллий масихый бирлеспесиниң президенти пүткил дүнья масихыйларын бул өтиништи ҳүкиметтиң қоллап-қуўатламаўы ушын дуўа етиўге шақырды. Непалдың шығыс бөлегинде жергиликли индуистлер менен буддистлер жергиликли халық масихый динине өте баслағаннан кейин, бес жәмәәтти жоқ қылған. Ал 1950-жылы елде ҳеш масихый болмаған. Бирақ енди «Мухаддес Руўхтың ғәрезсиз ҳәрекети» арқасында жәмәәтлерде төрт жүз мыңнан аслам адам бар. 1991-жылдан баслап, Непал ҳүкимети масихый динине өтиўди қадаған еткен нызамды писент етпейди. Деген менен, жағдайдың бундай жақсыланыўы қәлеген ўақытта тоқтатылыўы мүмкин. Жийи-жийи масихыйларды гүўалық бергени ушын жәмийетлик ҳәм экономикалық шеклеўлердиң басқа түрлерине дуўшар қылады. Мысалы: оларға жумыс табыў қыйын болады. Қыйнаўлардан басқа, қуўдалаўдың ең аўыр түри — масихыйлардан перзентлерин тартып алып, оларды ата-аналық ҳуқықларынан айырыў болып табылады. Бундай жағдайлар Филиппинниң қубла районларында, Пакистанда ҳәм Перуде болған еди. Басқа тәрептен қарағанда, масихыйлар тез-тез өз хожалық ағзаларының ҳәм жәмийеттиң өзлерине сын көз қараста болыўын бастан кеширеди. Жәмийет масихый динин қабыллағанларға күшли психологиялық басым жасайды. Усындай аўҳалда масихый адам қоңсылары ямаса бурынғы дослары тәрепинен жөнсиз айыплаўларға ушырайды. Мынадай жағдай да болыўы мүмкин: масихыйдың хожалық ағзалары оған қарсы гүўалық бериўи мүмкин. Бундай ҳүжимлерге тек Ийемизге өзлерин толық бағышлаған адамлар ғана қарсы тура алады. Есте сақлаңлар, Аюптың китабында оның ҳаялы «Қудайға тил тийгизип, өлиўди» мәсләҳәт еткен еди. Умытпаңлар, бундай қубылыслардың ҳеш бири де Қудайды ҳайран қалдыра алмайды. Еврейлерге жазылған хаттың 11-бабын және бир мәртебе оқып шығып, бурын исениўшилердиң қандай машқалаларға дуўшар болғанын изертлеп көриң. Әсиресе 33-аяттан баслап, 38-аятқа дейин айрықша дыққат аўдарың. Оларда айтылыўы бойынша, биреўлер азатлық алған, ал басқалар алмаған. Ҳәзирги күнде азап шегиўлердиң барлық түрлерин толық атап өтиў мүмкиншилиги жоқ. Деген менен, жәмәәт тарийхының ҳәмме дәўирлери менен салыстырғанда, XX әсирде көп масихыйлар набыт болғаны анық белгили. Мухаддес Китапта берилген улыўма жол-жорықлардан басқа, ҳәр бир қуўдалаў жағдайында анық қалай ис тутыў кереклиги бойынша масихыйларға берилетуғын үлги жоқ. Ҳәтте, егер биз сондай үлгилерди берген жағдайда да, олар пайдасыз болған болар еди. Өйткени биз тек өзимиздиң ҳәлсиз күшлеримизди дыққатқа ала отырып, күшли душпанға қарсы ылайықлы қарсылас бола алмаймыз. Бизиң таярлығымыз Қудайдың сөзин изертлеўден, исеним арқалы Оның менен бирге болыўдан, ҳәр күни өзлеримизди Мухаддес Руўхқа бойсындырып барыўдан ибарат болып табылады. Және де, биз өзлеримиз ушын басқа исениўшилердиң дуўа ететуғынына исенемиз. Биз алдын атап өткен Еврейлерге жазылған хаттағы қуўдалаўлар ҳаққында сөз етилген аятлар «исеним ҳаққында айтылған белгили баптан» орын алғаны тосаттан емес. Усы хаттың 11-бабында «исеним» сөзи жигирма төрт рет ушырасады. Павел айтқанындай, исеним адамда өзине деген исенимди пайда етеди: Маған күш-қуўат беретуғын Ийса Масих пенен бирге ҳәмме нәрсени ислей аламан(Филиплилерге 4:13). Топардағы сабақлар Роллерге бөлинип, шынығыў өткизиў: Сиз — душпанлық аўҳалда жасаўшы исениўшисиз. Әтирапыңыздағыларға сүйиспеншилик көрсетиўге ҳәрекет еткениңизге қарамай, әтирапыңызда өзлериниң исениминен айрықша болған исенимге ийе болғаныңыз ушын сизди жек көретуғын көп адамлар бар. Буннан тысқары, сизиң үйиңизде масихый жәмәәт ағзалары жасырын жыйналыс өткизеди. Күнлердиң биринде, азан менен қоңсыларыңыз үйиңизге бастырып кирмекши болады. Кейин, полиция келип, еки тәрепти де тыңлап көреди. Полиция хызметкерлери сизди бөлимге өзлери менен бирге жүриўди (ол жерде сизди сабайтуғыныңыздан хабарыңыз бар) ямаса қоңсыларыңызды судқа бериўди усыныс етеди. Сиз нени таңлаған болар едиңиз ҳәм не ушын? Жеке сабақлар: 1. Қуўдалаўлар ҳәм азап шегиўлер ҳаққында айтылған аятларды есиңизге түсире алғаныңызша, ядтан айтып бериң. 2. Мухаддес Китапта сөз етилген қаҳарманлар ҳәм олардың қуўдалаўларға деген қатнасын айтып бериң. Талқылаў ушын сораўлар: 1. Исенбейтуғын адамлар менен салыстырғанда, масихый адамлар өз өмирлеринде көбирек азап шеге ме? 2. Сизде қуўдалаўлар ҳаққында қәте пикирлер болды ма? Олар қандай еди? 3. Мухаддес Китапта азап шегиў ҳаққында сөз етилген қандай тәлиймат ҳаққында сиз бурын ҳеш қашан ойланып көрмеген едиңиз? 4. Азап шегиўлер туўралы Мухаддес Китаптағы тәлиймат Қудайдың бизди сүйетуғыны ҳәм Оның бизиң өмиримизде тек жақсылық болып хызмет ететуғын нәрселердиң болыўына жол қоятуғыны бойынша тастыйықлаўға қалай туўры келеди? 5. Дүньяның машқалалы аймақларында аўыр азап шегип атырған масихыйларды қалай қоллап-қуўатлай аламыз? Биз олардан нелерди үйрене аламыз? Үшинши бап Қуўдалаўларға деген қатнас жаманлыққа жаманлық, ғарғысқа ғарғыс пенен жуўап қайтармаңлар. Керисинше, жақсылық пенен жуўап қайтарыңлар. Себеби Қудай сизлерди бул ушын шақырған. Петр. 1-х. 3:9 Абдул орта дәрмиян суннит мусылманлары шаңарығында дүньяға келди. Ол он жасар бала ўақтында мусылман динине исенип, жигирма үш жасына дейин қүшли диний адам болып қалды. Жас өспирим бала ўақтында, ол ҳәр бир жас жигит ушын тәбийғый болған төмендеги сораўларды бере баслады: «Мен киммен? Мен не ушын дүньяға келдим? Мени ким жаратқан? Мен не себептен мусылманман?» Оны бәринен де бетер келеси сораў қызықтыратуғын еди: «Мен қайтыс болғанымда, Қудай менен бирге боламан ба?» Абдул масихыйлар үш қудайға исенеди ҳәм Мухаддес Китап ҳақыйқатты бурмалайды деп тәлим алған еди. Бир елши оннан Мухаддес Китапта бурмаланған мағлыўматлар барлығын дәлиллеп бериўин өтиниш етти. Тоғыз ай даўамында, Абдул дәлил табыўға ҳәрекет етсе де, оларды таба алмады. Усы айлар даўамында, Қудай оның менен сөйлескен еди. Абдул толығы менен Қудайға бойсынды ҳәм Ийса Масихты өз Ийеси ҳәм Қутқарыўшысы деп тән алды. Абдул үш жыл даўамында исенимин жасырып жүрди ҳәм өзиниң жаңадан исенген нәрселери ҳаққында ҳеш кимге: үй-ишине де, досларына да тис жарып айтқан емес. Ол өз шешиминиң исламның талапларына қайшы келетуғынын, егер ата-бабасының динине қайтпаса, өзин өлтиретуғынын да билетуғын еди. Қандай да бир белгили ўақыт өтип, Абдул исенимде өскеннен соң, ол Экспо 92 бағдарламасы шегарасындағы ўәде Павильонында алып барыўшы сыпатында жумыс ислеў ушын Севильёға (Испания) мирәт етилди. Абдул буны жумыс сыпатында қабыл еткен жоқ. Ал бул Қудайға хызмет етиў ушын жаратылған мүмкиншилик еди. Жас жигит ушын үлкен жарылқаўлар ўақты келди. Абдул ўатанына қайтып келгенде, аэропорттың өзинде-ақ, ол ҳәм қәўипсизлик органлары арасында машқала пайда болды. Олар Абдулдың паспортын тартып алды. Оны еки инспектор саўалға тутып, динге қалай келгени ҳаққында қызықты. Абдулдың қолына кисен салып, оны туўры аэропорттан қаланың орайындағы Мәмлекетлик қәўисизлик комитетине апарды. Ол жерде Абдулдың көзлерин байлап, сегизинши қабатқа алып барды да, тергеўге салды. Абдулдың аяқ-қолларына, жүзине урды, оны масқаралады ҳәм бир өмирге қамаққа салынатуғын айтып, қорқытты. Абдулдың пүткил денеси таяқтан сызлап турған еди. Оған, ҳәтте, бир уртлам суў да бермеди. Деген менен, барлық хорлықлар ҳәм азаплаўлардан соң, кейин және келиўди мойнына қойып, Абдулды босатып жиберди. Соңынан, Абдулға егер динин сатқанлығы ушын тәўбе етпесе, бул ушын жуўап беретуғынын ҳәм оның сатқынлығы ҳаққында алды менен үй-ишине айтып беретуғынын билдирди. Келеси қәўетерли ҳәм азаплы айлар даўамында, Абдул жәмәәтке ҳеш бармай қойды. Ол бәринен де бетер өзиниң басқа динди қабыл еткенин үй-ишиниң билмегенин қәлеген еди. Өйткени бундай жағдайда нени күтиў кереклигин ол билетуғын еди. Буннан тысқары, Абдул бул иске өз масихый досларын араластырғысы келмеген еди. Ақырында, Абдул ҳәммесин өзиниң үлкен әжапасына айтып берди. Себеби оның менен жақсы қарым-қатнаста еди. Ол ҳеш болмаса, әжапасы өзин тыңлайды деп үмит еткен еди. Әжапасының биринши иси — Абдулды жылап отырып тыңлаўдан ибарат болды ҳәм кейин ол үй-ишин қәўип астына қоймаў ушын, Абдулға елден қашып кетиўди мәсләҳәт етпекши болды. Абдулдың үйинде тыңлаў үскенеси бар еди. Оның телефоны да тыңланатуғын, хатлары ашып оқылатуғын еди. Өзи қалай үзликсиз аңлыў астында болғаны сыяқлы, оның банктеги есап бети де үзликсиз бақлаў астында еди. Сегиз айлық қәўетер, аңлыў ҳәм үйдеги тинтиўлерден соң, Абдул елден шығып кетиўди шешти. Ол ендиги жағында не болатуғынын билмей, шийеленисиў ҳәм қорқынышқа шыдай алмай қалды. Себеби Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметкерлери оны тынышына қоя ма, я яқ па, бул оған намәлим еди. Бүгинги күнде, Абдул ҳәм оның ҳаялы еркин елде жасамақта. МУХАДДЕС КИТАПТЫҢ АЗАП ШЕГИЎГЕ ДЕГЕН ҚАТНАСЫ Бир дана ойшыл өмир жигирма пайыз ис-ҳәрекеттен ҳәм сексен пайыз қатнастан ибарат екенин айтқан еди. Мухаддес Китап ҳақыйқый қуўдалаўлар менен азапларға масихый қандай қатнаста болыў кереклигин үйретеди. Усы тәлийматтың айырым анық көз қараслары төмендегилерден ибарат: 1. Ҳайран қалмаңлар! Мухаддес Жазыўда өмиримизде болып атырған нәрселерге деген бизиң қатнасымыз туўралы көп сөз етиледи. Петр сынақлар, азаплар ҳәм қуўдалаўларға ушырағанымызда, ҳайран қалмаў кереклигин үйретеди: Сүйикли туўысқанларым, сизлерди сынаў ушын келетуғын аўыр азапты таң қаларлық нәрсе деп, ҳайран болмаңлар. Керисинше, Масихтың азапларына шерик болғаныңызға қуўаныңлар. Солай етип, Масих салтанат пенен келгенде, қуўанып шадланасызлар (Петр. 1-х. 4:12–13). Бул жерде Петр қуўдалаўлар ҳәм азаплар ҳаққында Жаңа Келисимде бир неше рет сөз етилген нәсиятты қайталайды (Юхан 15–16; Тимоф. 2-х. 3:12; Юхан. 1-х. 3:13 ке қараң). Азап шегиўлер бизди таң қалдырмаўы тийис. Оларды Қудайдың ой-нийетлерине ҳеш қандай кесент ете алмайды деген ой менен күтиў керек. 2. Қуўаныңлар! Петрдиң 1-хатында (4:13) сынақлар ўақтында қуўаныўды буйырыў Мухаддес Китаптағы ең қыйын орын болып табылады. Бирақ ол «бахытлылық буйрықларында» көрсетилген Ийсаның тәлийматына туўры келеди (Матта 5:11–12 ге қараң). Және де, бул Яқыптың өз хатының 1-бабында берген нәсиятларына да туўры келеди (2-аяттан 4-аятқа дейин). Түп нусқадағы фейил формасы ҳәзир исленип атырған исти билдиреди: қуўаныңлар! Бул буйрықты оған қосып берилетуғын Қудайдың ўәдесине дыққат аўдарсақ, түсиниў аңсатырақ болады. Римлилерге жазылған хатта (8:28) Ийемиздиң ең әжайып ўәделериниң бирин ушыратамыз. Мухаддес Китаптың анличан тилиндеги аўдармаларының бириндеги түсиндирмеде бул аят еле де анығырақ аўдарылса былайынша болады: «Бизлер Қудайдың Өзин жақсы көретуғынлар менен бәрқулла бирге болатуғынын ҳәм ҳәммесин олардың пайдасы ушын иске асыратуғынын билемиз». Қандай әжайып! Бизлер азап шегиўди жақсы көриўши адамлар емеспиз ҳәм бир жеримиз аўырса, биз ҳәз етпеймиз. Бирақ биз Ийемиз бенен бирге Оның азапларын бөлисе алатуғынымызға ҳәм Ол келгенде, Оның менен бирге мәңгиликке қосылатуғынымызға қуўанамыз. Петр өзиниң 1-хатында (4:14) азап шеккенде болатуғын және бир қуўаныштың себеби ҳаққында айтады. Өйткени бизлерде Мухаддес Руўх болып, Ол бизди аўырыў ҳәм қорқыныштан азат етеди. Сол Руўх ҳәр қандай қуўдалаўлар себепли болатуғын азаплардың күшин билиўге де жол ашады. Тек Ол ғана исениўшиге айрықша мийрим береди. Сонлықтан қуўаныңлар! 3. Миннетдаршылық пенен дуўа етиңлер Филиплилерге жазылған хатта (4:6) елши Павел бизлерди «ҳеш нәрседен тәшиўиш шекпеңлер. Ал ҳәмме нәрсе ушын Қудайға дуўа етип ҳәм жалбарынып, ҳәр бир тилегиңизди Оған шүкирлик пенен билдириңлер» деп шақырады. Керек ўақтында, Қудайдан жәрдем сораўымыз анық. Деген менен, Павел екилениўлер, айыплаўлар ҳәм Қудайға деген наразы сораўлардың болмаўы керек екенлигин айтады. Керисинше, биз ҳәммесин шүкирлик пенен қабыл етиўимиз тийис. Өйткени бул бойынша Қудайдың Өз жобасы болып, Ол усы ис ушын Өзиниң өлимнен тирилген күшин береди. Елши Павелдиң бул хатындағы келеси аят шүкиршилик билдирген жүрекке жайласатуғын мийрим ҳаққында сөз етеди: «Сонда ҳәр қандай ақыл-ойдан зыят болған Қудайдың тынышлығы Масих Ийса арқалы кеўиллериңизди ҳәм ой-пикирлериңизди қорғайды». Және де, Мухаддес Жазыў бизди азап шегиўге дуўшар болғанлар (Ел. исл. 12:5; Евр. 13:3; Колоса. 4:18 ге қараң), оларды қуўдалап атырғанлар (Матта 5:44; Рим. 12:14 ке қараң) ушын дуўа етиў кереклигин үйретеди. Және де, қуўдалаўларға дурыс қатнаста болыўымыз ушын Ийемиздиң өзлеримизге даналық бериўи ушын да дуўа етиўимиз тийис. 4. Азаплардың тийкарын анықлаңлар Петрдиң биринши хатында (4:15–19) қуўдалаўлар менен азапларға дурыс қатнаста болыў бойынша еки әҳмийетли жолды көремиз. Олардың биреўи — азапларды баҳалаў. Петр ҳәмме азаплар да Қудайдың ерки менен болмайтуғынын айтады. Ол азап шекпеўимиз ушын, бизлер ҳеш қашан да ислемеўимиз керек болған жынаяттың төрт түрин атап өтеди. Бул — адам өлтириў, урлық, жаўызлық ҳәм басқа адамның затын ийелеў болып табылады. Биз азап шегип атырып, Қудайдың еркин орынлап атырғанымызға исенимли болыўымыз ушын, азаплар ҳәм олардың мақсетлерин дурыс баҳалаўымыз керек. Сол хаттың 17-аятында, Петр азапларға таяр турыўымыз кереклигин нәсият етеди. Өйткени Қудай Өзи келместен алдын, бизлерди Өз жәмәәтиниң ағзалары сыпатында жазалайды, сынайды ҳәм пәклейди. Бизиң Ийсаның келиўине деген таярлығымыз қуўдалаўлар менен азапларды ҳәлсиз қылады. Тағы да, Петр былай деген еди: «Солай етип, Масих денеси менен азап шекти. Сизлер де Масихта болған ойлар менен өзлериңизди азап шегиўге таярлаңлар» (Петр. 1-х. 4:1). Бул аят Мухаддес Китаптың қытайша аўдармасында еле де күшлирек: «Азап шегиўге таярлықты өз қуралыңызға айландырың». Сонлықтан көплеген қытай масихыйлары душпанлардың қолынан қуралды тартып алып, оны Қудайдың жеңиси ушын қолланғаны ҳайран қаларлық нәрсе емес. 5. Азаплардан уялмаңлар Исениўшилер шегип атырған азаплары себепли шайтанның өзлеринде уят сезимин пайда етиўине жол қоймаўы тийис. Басқа исениўшилерден айырып таслаў сыяқлы азаптың түри себепли шайтан исениўшилердиң руўхын түсирип, жүреклерине екилениў салмақшы болады. Егер исениўшилер Ийса ушын азап шегиў тәбийғый жағдай екенин ҳәм пүткил дүньядағы масихыйлар усындай аўҳалға дуўшар болатуғынын түсинсе, онда олар күшли қоллап-қуўатлаў ала алады. Петр былай дейди: «Бирақ сизлер масихый болғаныңыз ушын азап шегип атырған болсаңыз, уялмаңлар. Ал бул ат пенен аталатуғыныңыз ушын Қудайды алғыслаңлар» (Петр. 1-х. 4:16). 6. Масих азапларға қандай қатнаста болған болса, сизлер де сондай қатнаста болыңлар Егер биз Масих сыяқлы азап шегип атырған болсақ, онда азапларға да Масих сыяқлы қатнас жасаўымыз тийис. Егер биз қуўдалаўларға денелик қатнаста болатуғын болсақ, онда бизиң азапларымыз набыт болып атырған дүньяның гүўалықлары сыпатында өз мәнисин жойтыўы мүмкин. Масих жаманлыққа жаманлық, хорлыққа хорлық пенен жуўап қайтармады. Өзин қорқытқан адамларды қорқытпады. Ол Өзине жаманлық қылған адамлардан өш алмады. Ол Өзин хорлағанларды жақсы көрди ҳәм Өзин жек көретуғынлар ушын дуўа етти. Бизлерге өзлеримизди ғарғайтуғынлар ушын жақсы тилек тилеўимиз, жек көретуғынларды жақсы көриўимиз ҳәм қуўдалайтуғынлар ушын дуўа етиўимиз буйырылған (Матта 5:38–48 ге қараң). Умытпаңлар: масихыйларды қуўып, қуўдалағанлардың өзлери олардың қуўдалаўларды қалай қабыл еткенин көрип, ақырында масихый болғаны ҳаққында анық гүўалықлар бар (Петр. 1-х. 3:14–18 ге қараң). 7. Қудайға исениңлер! Петр өзиниң биринши хатында (4:19) шәкиртлердиң «өз жанларын Қудайға тапсырыў» кереклиги ҳаққында айтады. Бул сөзлерди айтып, ол садық Жаратыўшымыздың исенимли екенин ҳәм Оған исеним артыўға болатуғынын, себеби тек Ол мүтәжликлеримиздиң ҳәммесин қанаатландыра алатуғынын айтыўды қәлейди. Егер биз жүреклеримизде ҳәммесин Ийемизге тапсырыўды шешкен болсақ, онда азапларға шыдай алыў анағурлым жеңил болады. Егер биз Оған қулақ асып ҳәм өзлеримизди қурбан қылып, хызмет етиўимиз арқалы, Оған бойсынсақ, онда бизге Оның өмиримизде болыўына жол қоятуғын сынақлар ҳәм азаплар себепли тәшиўишлениўимизге ҳәжет жоқ. 8. Беккем турыңлар ҳәм бирликли болыңлар Бир хожалықтың ағзалары сыпатында, биз азап шегип атырған ағзаға жәрдемге келиўимиз тийис. Масихтың денеси Оның барлық ағзалары бир-бири менен тығыз байланысқан ўақытта ғана күшли болады. Бир мүше азап шегип атырған болса, қалған барлық мүшелер де азап шегеди (Коринф. 1-х. 12:20–27 ге қараң). Пакистанлы Саламат Мазих (Salamat Masih) атлы жас жигит қуўдаланып атырған пакистанлы бир жәмәәттиң Масихтың денеси болған басқа жәмәәтлерден алып атырған жәрдеми ҳаққында гүўалық береди. Саўатсыз болған бул адамды Мухаммед пайғамбарды жазба түринде масқаралағаны ушын айыплап, усы себепли оны өлим жазасына буйырды. Бирақ кейин ала ол ақланды. Усы ўақыт даўамында, ол дүнья жүзиниң барлық тәрепинен өзи ушын дуўа етип атырғаны айтылған хатларды алып турды. Саламат былай деген еди: «Мен бурын пүткил дүнья жүзи бойлап соншелли туўысқанларым барлығын билмеген едим». Бир индонезиялы шопанға топылыс жасалып, оған күшли дене жарақатлары салынған ҳәм оны елди таслап кетиўге ҳәм өз хызметинен ўаз кешиўге мәжбүр еткен еди. Оны «қорқақлықта» айыпламастан бурын, шопан жәмәәт ҳәм исениўшилер тәрепинен қандай да бир жәрдем алды ма, я яқ па, усы туўралы қызығып көрейик. Мүмкин, ол өзине сүйиспеншилик ҳәм мийрим көрсететуғын жетерли адамлар табылмағанлықтан, өзин жалғыз сезген шығар? ТАЯР БОЛМАҒАН МАСИХЫЙЛАРДЫҢ БОЛЫЎЫ МҮМКИН БОЛҒАН ҚУЎДАЛАЎЛАРҒА ДЕГЕН ҚАТНАСЫНЫҢ ТҮРЛЕРИ Исениўшилер қуўдаланбайтуғын еллерде олар қуўдалалаўларға бийпәрyа қарайды. Қуўдалаўлар ҳаққында айтылғанда, исениўшилердиң билдирген айырым сөзлери төмендегише: 1. «Бизлерде бундай болыўы мүмкин емес» Психологлар бундай сөзлер географиялық бөлеклениўге байланыслы деп көрсетеди. Көплер кең мәнистеги қуўдалаўлар мүмкин емес, өйткени «Конституция ҳүждан еркинлигин тәмийнлейди» ямаса «елимизде исениўши жәмәәтлер көп», деп есаплайды. Бундай исениўшилер өз елиндеги билимли ҳүкимет хызметкерлерине ҳәм олардың елиндеги диний өмирде масихый жәмәәт орайлық орында турғанына сүйенеди. Угандадағы масихый жәмәәт саны жағынан үстем болып, оның ағзалары елдиң жетпис пайызынан ибарат еди. Бирақ елде ҳүкиметти Иди Амин ийелеп алғаннан соң, масихыйларға қарсы күшли қуўдалаўлар басланды. Жәмәәтте адам санының көплиги оның қәўипсизлигин тәмийинлей алмайды ҳәм оның ағзаларын болыўы мүмкин болған қуўдалаўлардан қутқара алмайды. 2. «Бизиң заманымызда қуўдалаўлардың болыўы мүмкин емес» Бундай сөзлерди бизиң дәўиримиздиң азат гуманизми себепли өзлерин қуўдалаўлардан азат деп есаплаўшы адамлар айтады. Бирақ қуўдалаўлар келгенде, тарийх олардың өмирине де тәсирин тийгизеди. 3. «Қудай бундай нәрсеге жол қоймайды» Қуўдалаўлардың қудайлық тийкарын түсинбегенликтен, исениўшилер дуўа етип, Қудайдан, ҳәтте, қуўдалаўлардың болыў мүмкиншилигин де жоқ қылыўды сорайды. Қуўдалаўларға дурыс қатнаста болыў ушын ямаса Қудайдың сөзин жәриялаўда батыллыққа ийе болыў ушын дуўа етиўдиң орнына (Ел. исл. 4:29 ға қараң), олар Қудайдың қуўдалаўларға жол қоймаўы ушын дуўа етеди. Себеби бундай жаманлықлар тек шайтаннан келеди деп есаплайды. 4. «Бизлерге бул ҳаққында ойлаўға ўақыт жоқ» Қуўдалаўлардың не екенин пүткиллей умытқан Америка Қурама Штатлары сыяқлы еллерде жасаўшы адамлар усындай қатнаста болады. Таң қаларлығы сонда, қуўдалаўлар олар ҳаққында, ҳәтте, ойлаўды да қәлемейтуғын жерлерде жүдә жаўыз болады. ТАЯР БОЛМАҒАН МАСИХЫЙЛАРДЫҢ ҚУЎДАЛАЎЛАРҒА ДЕГЕН ҚАТНАСЫНЫҢ ТҮРЛЕРИ Қуўдалаўлар басымы астында бизлердиң минез-қулқымыздың ылайықлы болыўы Масихтың күшине байланыслы. Биз тек Ол себепли ғана турақлы бола аламыз. Таяр болмаған масихыйлар қуўдалаўларға дуўшар болғанда, төмендеги қәтелердиң бирин ислеўге деген бейимлигин көрсетеди: 1. Исенимнен қайтып, душпан тәрепке өтиў Исенимнен қайтыўдың болыўы анық. Бирақ таяр болмаған масихыйлар қуўдалаўларға анық усындай қатнаста болады. Масих қолға алынғанда, Петр қорқып кеткенликтен, Оннан танған еди. Ал Яҳуда өзиниң Ийсаға деген исениминен сөзсиз ўаз кешип, Оны душпанның қолына тапсырды. Бизлердиң ҳәммемиз де өмиримиздиң ҳәр түрли пайытларында усындай гүна ислегенбиз. Бирақ есте сақлаңлар: Қудай, ҳәтте, усы гүнаны да кешире алады. 2. Адамның өз исенимин жасырыўы ҳәм жәмийеттен бөлеклениўи Бундай қатнастың қәте екенлиги онша көзге тасланбайды. Исениўшилер өзин ақлап, Ийемизге деген исенимнен ўаз кешпегенин айтады ҳәм жасырын менменликке ийе болады. Бирақ егер ол қорықанынан басқа масихыйлардан бөлекленген болса, онда душпан бул бөлиниўди беккемлейди ҳәм сонда исениўшиниң руўхый өмири кем-кемнен сөнип бара береди. Қамақта болғанда, ҳәтте, Шомылдырыўшы Яқыя да Ийса ҳаққында екиленген еди (Лука 7:18–23 ке қараң). Қуўдалаўларға ушыраған көп масихыйлар усындай жолды таңлаған. Бирақ кейин ала олар өз қәтелерин түсинип жеткен. Олар бөлеклениўин қойып, басқа масихыйлар менен қарым-қатнасын тиклеген ҳәм масихый туўысқанлыққа қайтадан ерискен. 3. Руўхый түскинлик ашық қозғалаңға ийтермелейди Қатнастың бул түри созылып кеткен нәтийжелерге алып келиўи мүмкин. Бизиң менменлигимиз себепли пайда болатуғын ашық қозғалаң бир қарағанда батыл ис болып көриниўи мүмкин. Бирақ бундай ис-ҳәрекетлер ҳүкимет тәрепинен қуўдалаўлардың күшейиўине, я қозғалаңшының жоқ қылыныўына, я оның қамаққа салыныўына алып келеди. Бул нәтийже Мухаддес Китаптағы қуўдалаўларға деген көз қарасқа қайшы келмейди. Мухаддес Китап масихый жәмәәтти жақлаў ушын қурал ислетиўге шақырады. Деген менен, қурал менен қарсылық көрсетиў масихыйларда күшли қәўетерлениў пайда етеди. Бундай қатнастың Мухаддес Китап тийкарында изертлениўи исениўшиниң пуқаралық миннети ҳәм оның қурал көтерип жүриў бойынша жеке жуўапкершилиги ямаса оннан бас тартыўын айырып билиўимиз тийис екенлигин көрсетеди. Өмир баянлар, гүўалықлар менен Ийсаның тәлийматынан келип шығып, қурал көтерип жүриў аўҳалдан ылайықлы шығып кетиў бойынша ылайықлы жол деп есаплаўға болмайтуғынын көремиз. Солай болса да, биз көп шопанлар менен жәмәәт ағзаларының бул жолды дурыс деп есаплайтуғынын мойынлаймыз. Ийемиз биреўлерди ҳүкиметке қарсы қаслық ис-ҳәрекетлерге алып келиўи (Шомылдырыўшы Яқыя сыяқлы) мүмкин. Сонлықтан, қалған исениўшилер усындай жол менен ҳүкиметтиң ғәзебин оятқаны себепли басқа адамды ҳеш қашан да ҳүким етпеўи керек. Бирақ шайтан басқа адамларға жәрдем ете алыўы мүмкин болған сол адамды жолдан алып таслаў ушын себепти қолланған болыўы итимал. 4. Қашып кетиў (егер бул бирден бир жол болса) Масихыйлардың қуўдалаўларға деген әпиўайы қатнасы мүмкиншилиги болғанынша, Қудайға хызмет етиў жыйналысын өткизиўге ҳәм Хош Хабар айтыўға жақсы шәраятлар болған қәўипсиз жерге көшип кетиў болып табылады. Жәмәәттиң жумыс алып барыўы ушын, бул жол жалғыз жол болып табылады. Масих атанақ ағашқа шегеленген ўақытта, Оның барлық шәкиртлери қорқып қашып кетти. Бирақ кейин олар ҳақыйқый «қәўипсизликке» тек Қудайдың еркине исениў арқалы ерисиўге болатуғынын түсинди. Қаслық жағдайда, жәмәәт тек жумыс алып барып қоймай, ал ол гүлленип те бара береди. Атап өтилген қатнас түрлериниң ҳәммеси қуўғынларға руўхый таяр болмаған адамлар арасында кең тарқалған. Бул дене бойынша қатнас болып, ол машқалалы аўҳалға руўхый жуўап емес. Егер биз Ийемизге сүйенип жасасақ, ҳәмме нәрсе де болыўы мүмкин. ТАЯР БОЛҒАН МАСИХЫЙЛАРДЫҢ ҚУЎДАЛАЎЛАРҒА ДЕГЕН ҚАТНАСЫНЫҢ ТҮРЛЕРИ Исениўшилердиң ҳақыйқый өмиринде болған, таяр масихыйлардың қуўдалаўларға деген ҳәр түрли қатнаслары бар. Бундай адамлар исенимде беккем турыўға ҳәм дағдарыслар ўақтында руўхый өсиўге таяр. Исениўшилердиң қарсылық көрсетиўиниң келеси үш усылы ҳәм Мухаддес Китапқа ҳәм тарийхқа сай болып табылады. Көплеген жағдайларда олар Қудайдың басқарыўында өтеди. 1. Олар қашып кетти (буның Қудайдың еркине сай екенин билгенде) Өлимнен аман қалыў ушын, Жаңа Келисимде Юсуп ҳәм Мәриям Нәресте Масих пенен Мысырға қашып кеткен еди. Ийса шәкиртлерине қуўдалаўлар басланғанда, басқа қалаға қашып кетиўди буйырған еди. Оның Өзи де бир неше рет парисейлерден қашып кеткен еди. Ерте заманларда Ерусалимде жасаған масихыйлардың Ийсаның буйрығына бойсынбағаны ҳаққында Елшилердиң ислери китабында оқыймыз (1:8). Олар Хош Хабар тарқатыў ушын дүньяның шетине дейин барған жоқ. Сонлықтан Қудай исениўшилерге Елшилердиң ислери китабында баянланған (8:1) қуўдалаўларды жиберген еди. Ол бул арқалы оларды пүткил дүнья жүзи бойлап тарқатып жибериўди қәледи. Мухаддес Жазыўдың текстине сай, қуўдалаўлар Қудайдың еркиниң орынланыўы ушын болды. Өйткени исениўшилер дүнья жүзи бойлап тарқалған сайын, Хош Хабарды тарқатып бара береди (Ел. исл. 8:4 ке қараң). Ҳәр түрли еллерге тарқалып кеткен ерте заманлардағы масихыйлар жолларында ушыратқан адамлар менен Хош Хабарды бөлиспей тура алмады. Көп қуўдалаўларды бастан кеширген елши Павелге өзиниң елшилик өмиринде неше мәртебе қашыўға туўры келди (Ел. исл. 9:25, 30; 17:10 ға қараң). Бундай жағдайларда оған дослары ҳәм избасарлары жәрдем берди. Олар Павелдиң өмирин қутқарыў ушын ҳәммесин иследи. Деген менен, ол ҳәмме ўақытта да қуўдалаўлардан қашып кетиўге тырыспады. Бүгинги күнде көплер: «Қуўдаланған масихыйлардың өз үйин таслап кетиўи дурыс па?» деп тартысады. Усыған қарар еткен адамлар буның Қудайдың ерки екенине исенимли болыўы тийис. Басқа тәрептен қарағанда, егер ҳәмме масихыйлар қашып кетсе, адамларға Масих ҳаққында ким гүўалық береди? Есте сақлаңлар: Ийемиз өзимизди қоршаған дүньяда бизиң «дуз ҳәм нур» болыўымыз кереклигин айтқан еди (он жетинши бапқа қараң). 2. Олар қалды ҳәм ақырына дейин тура алды Бул қолланбаның мақсети — қуўдалаўларды ылайықлы түрде бастан кешириў ҳәм олардан жеңимпаз болып шығыўды үйретиўден ибарат. Сонлықтан олардың өмирге толық уқыплы түрин қарап шығайық. Бул түринде масихыйлар «жасырын» исениўшилерге айланады ямаса рәсмий емес, яғный жасырын жәмәәт дүзеди. Көпшилик масихыйлардың қуўдалаўларға деген қатнасы Мухаддес Китаптағы үш әҳмийетли ҳақыйқатқа тийкарланған: Тек Қудай ғана Қазы ҳәм Ол ғана ғәрезсиз Ийе. Тек Ол ғана адамлардың жүрегин биледи ҳәм тек Ол ғана олардың жолын бағдарлайды. Егер биз өз күшимиз бенен өш алыўды басласақ, онда биз Қудай ислейтуғын исти орынлаған боламыз. Өш алыў Мениң қолымда, сазайын Өзим беремен. ўақты келгенде, олардың аяқлары таяды. Жақындур олардың қулайтуғын күни, жаза күни жүдә жақын қалды (Нызамды қайталаў 32:35). • Қудай жәбир шеккенлердиң дуўаларын еситеди. Қудай, Сен мени ақла! Опасыз халыққа қарсы даўымда мени жақла. Өтирикши ҳәм әдилсиз адамлардан қутқар (Забур 42:1). • Өш алыў Қудайға тийисли болғанлықтан, бизлер өш алмаўымыз тийис. Егер душпаның аш болса, оған нан бер. Егер шөллесе, суў бер. Солай ислеп, оны уялтарсаң, есесин Жаратқан Ийеден аларсаң (Сулайманның. ҳикметлери. 25:21–22). Ески еврей тилинде «есесин қайтарыў» «жуўмақлаў» деген мәнисти де аңлатады. Қудай өз душпанына деген мийримлилик көрсеткен адамның исин жуўмақлайды. Жийи-жийи қуўдалаўлар қуўдаланғанлардың өлими менен тамамланады. Бизде ең кеминде Жаңа Келисимнен алынған үш мысал бар. Олар: Шомылдырыўшы Яқыя, Степан ҳәм Яқып (және де, Евр. 11:36–37 ге қараң). Усы жағдайлардың ҳәммесинде, азаплы өлим қуўдалаўлардың нәтийжеси сыпатында қабыл етилди. Бизиң заманымызда, буны түсиниў қыйын. Буннан тысқары, бизиң мәдениятымызға «адамның ҳуқықын» жақлаў ҳәм ҳәр қандай азаплардан аман қалыўға тырысыў тән. 3. Олар өзлериниң нызамлы ҳуқықларынан пайдаланды Үшинши, биринши менен екинши усыллар арасында болған ортаншы жол бар. Бул ақырына дейин тура алыўға жәрдем беретуғын ҳәр қандай мүмкин болған усылға сүйениў болып табылады. Бул жерде Павел бизлерге үлги көрсеткен еди. Елшилердиң ислери китабындағы 22-бапта ол өзине берилген жазаның мәниссиз екенин көрип, өзин жақлаў ушын өзиниң рим пуқаралығын қолланады. Ал Елшилердиң ислери китабындағы 25-бапта ол яҳудийлердиң қолынан өлим көриўден сәл қалады. Бул оның өзин жақлаў мақсетинде, өзиниң рим пуқаралығын қолланған ҳалда, қайсардың ҳүкимин талап еткенлиги себепли болды. Барлық үш түрде де әдалатлыққа деген умтылыс көринеди. Әсиресе бул басқа адамларға деген қатнаста билинеди. Масихыйлар ушын әдалатлықты жақлаў олардың шақырылыўына байланыслы. Әдалатсызлыққа қарсы турыўшы исениўшилер фронттың алдынғы қатарында турып, өзлерин қуўдалаўлар менен қуўғынларға дуўшар етеди. Туўысқанымыз Абдиас Товилла (Abdias Tovilla) Чьяпадағы (Қубла Мексика) өз ўатанласларына жәрдем бериў мақсетинде, нызамды үйренди. Чьяпа турғынларын тек Хош Хабаршы масихыйлар болғаны ушын ғана үйлеринен қуўып шығарған еди. Перуда ҳүкиметке қарсы ис-ҳәрекетте айыпланып, наҳақ қамаққа салынған жүзлеген масихыйларды юридикалық жақтан қорғайтуғын масихый кеңес шөлкемлестирилди. Жәбир шеккен аз адамлардан ибарат болған Шри Ланкадағы жәмәәт масихыйлардың қуўдалаўға ушыраған жәмәәтке жәрдемге келетуғынының әжайып үлгиси болып табылады. Шри Ланканың Хош Хабаршы аўқамы Дүньяжүзлик Хош Хабаршы аўқамының диний азатлық бойынша комиссиясы менен биргеликте жәмәәт ямаса исениўши адам ҳүжим ҳәм қуўдалаўға ушыраған жағдайда не қылыў кереклиги бойынша келеси қолланбаны қабыл етти: • Жәбир шеккен жәмәәтти басқа жәмәәтлер барып көриўи ҳәм шопан менен жәмәәт ағзаларын жигерлендириўи тийис. • Нызамсызлық болғаны ҳаққында акт дүзиў ҳәм ол туўралы дүньяжүзлик жәмийетшиликти хабарландырыў. Әдетте бул интернет арқалы исленеди. Нәтийжеде басқа исениўшилер Масихтың денесиниң азап шегип атырған бөлеги ушын күшли түрде дуўа етеди. • Азап шегип атырғанларға қаржылай жәрдем бериў. Жәмәәтлер өз күшлерин қуўдалаўларға ушырағанларға жәрдем бериў мақсетинде қаржы жыйнайды. • Исениўшилерди қуўдалаў бойынша мәселени ҳүкимет дәрежесинде қараў. Келешекте бундай ислердиң алдын алыў ушын нызам тәртибин ҳәм жәмийетлик пикирди қолланыў. • Шопан ҳәм жәмәәт ағзаларына олардың нызамлы ҳуқықлары бойынша мағлыўмат бериў ҳәм олардан ҳәр қандай қуўдалаўлар ҳаққында хабарландырыўды өтиниў. • Диний еркинлик шегараларында нени ислеўге болатуғына ҳәм нени ислеўге болмайтуғынына байланыслы мағлыўматларды жеткизиў. • Бул жерде адам өзин бахытсызлыққа дуўшар қылмаўы ушын, қаслық жағдайда жәмәәтте өзин қалай услап тутыў бойынша кеңеслерди атап өтиў керек болады: • Қудайға хызмет етиў жыйналысларын шаўқымлы қылып өткизбеўге тырысыў; • Өзлеримизди қоршаған дүньядан бөлекленбеў ҳәм соның менен биргеликте жәмәәт қәўимине де жат болмаў; • Бизлерди қоршаған адамлардың мәдениятына өз жүрис-турысымыз бенен сай болыў; • Диний байрамлар ўақтында ҳәммениң дыққатын қаратыў; • Хош Хабарды жәриялаў ўақтында, адамларға гуманитар ямаса жәмийетлик жәрдем көрсетпеў; • Әтирапымыздағы дүньяның азғырылыўына себепши болмай, әпиўайы өмир сүриў; • Қуўдалаўлар жағдайында кишкене топар болып жыйналыў; • Жыйналысларға шет елли адамларды мирәт етпеў; • Басқа динлер туўралы жаман сөз айтыўдан өзлеримизди тыйыў. Келеси сезгир пикирди конфессиялар аралық сәўбетте қатнасқан бир жәмәәт басшысы айтқан еди. Оның көз алдында болған келиспеўшиликтен кейин, ол ислерди бундай жағдайда алып барыў қыйын екенин түсинди. Ол пайдалы сәўбет ушын келиспеўшиликлер ис барысында сөндирилиўи емес, ал жоқ қылыныўы керек екенлигин тастыйықлайды. Жергиликли жәмәәт ҳәм ҳәр бир исениўши адам азаплардың болыўы сөзсиз екенин ҳәм оларға деген Мухаддес Китаптағы қатнас түрлери ҳаққында ойлап көргенде, олардың жеңиси тек мүмкин болып ғана қалмай, ал оның болыўы да анық. ЖУЎМАҚ Бизлер дуўшар болатуғын қуўдалаўлар яки жүрегимизди жаралайды, яки руўхый өсиўге жәрдем етеди. Бул бизлердиң оларға деген қатнасымызға байланыслы. Тилекке қарсы, адамлардың көпшилик бөлеги Қудайдың қуўдалаўларды олардың ийгилиги ушын қалай пайдаланғысы келетуғынын көрмейди. Олар азапларға надурыс қатнаста болады. Олар жағдайдан қандай пайда алыўға болатуғынын ойлап көриўдиң орнына, азапларды қабыл етпейди. Енди Қудайдың бизиң өмиримизге қуўдалаўлардың болыўына не ушын жол қоятуғыны бойынша саўалға берилген жуўаплардың бес түри мынадай: 1. Қудай қуўдалаўларды бизди бағдарлаў ушын қолланады Гейде Қудай бизди ҳәрекет етиўге мәжбүр етиў ушын, албыратыўға мәжбүр. Бизге сырттан келген машқалалар ҳәм басым жаңа бағдарды көрсетип, алға қарай жеделлик пенен ҳәрекет етиўге шақырады. Мүмкин, Қудай бизиң дыққатымызды Өзине қаратыўға тырысса керек? «Таяқтан қалған жарақат жаўызлықтан тазартар. Таяқтың зардабы ишки дүньяны пәклер» (Сулайманның ҳикметлери 20:30). Солай етип, гейде адамға өз ҳәрекетиниң бағдарын өзгертиў ушын өзин мәжбүрлеп, аўырыўды басынан кешириўге туўра келеди. 2. Қудай қуўдалаўларды бизди сынаў ушын қолланады Қудай сизди қыйын таңлаў алдына қойып, сынады ма? Бул таңлаўлар қандай болды? «Ҳәй, туўысқанларым, түрли сынаўларға ушырағаныңызда оны үлкен қуўаныш пенен етиңлер. Себеби исенимиңиздиң сыналыўынан сабырлық пайда болатуғынын билесизлер» (Яқып 1:2–3). 3. Қудай қуўдалаўларды бизди дүзетиў ушын қолланады Биз айырым сабақларды тек аўырыў ҳәм жеңилислер арқалы аламыз. Биз кишкене болғанымызда, ата-анамыз ыссы пешти усламаўымызды ескерткен еди. Бирақ биз бул ескертиўдиң мәнисин ис жүзинде, яғный күйген ўақтымызда түсиндик. Гейде биз бир нәрсени жойтқан ўақтымызда ғана оның қәдирин биле баслаймыз. Мысалы: ден саўлық, ақша, жақсы қарым-қатнас. «Жақсы болды азап шеккеним, усы арқалы қағыйдаларыңды үйрендим» (Забур 118:71). 4. Қудай қуўдалаўларды бизди жақлаў ушын қолланады Егер өмирдеги машқала бизди еле де күшлирек қәўиптен сақлайтуғын болса, онда ол жасырын жарылқаў болыўы мүмкин. Өткен жылы мениң достымды баслығы жумыстан шығарып таслаған еди. Себеби достым баслығының буйрығы өзиниң әдеп-икрамлық нормаларына қайшы келетуғынын болғанлықтан, оны орынлаўдан бас тартқан еди. Жумыссыз қалыў ол ушын машқала болды. Деген менен, кейин ала фирманың жасырын ислери ҳүкиметке белгили болғанда, достымның жумыстан шығарылыўы оны айып тағылып, қамаққа салыныўдан аман сақлап қалды. «Сизлер маған жаманлық ойлаған едиңиз. Бирақ Қудай… бул жаманлықты жақсылыққа айландырды» (Жарат. 50:20). 5. Қудай қуўдалаўларды бизди минсизликке еристирип барыў ушын қолланады Егер машқалаларға дурыс қатнаста болсақ, олар адамды қәлиплестирип барады. Қудайға бизиң қолайлығымыздан гөре, өзимиз анағурлым әҳмийетлимиз. Қудай менен қарым-қатнас ҳәм бизиң өзимиз — бизди мәңгиликке алып кететуғын жалғыз нәрсе. «Бизлер тек бул себепли емес, ал қыйыншылықлар себепли де қуўанамыз. Себеби қыйыншылықлардан сабырлылық, сабырлылықтан жақсы минез-қулық, жақсы минез-қулықтан үмит пайда болатуғынын билемиз. Сол үмит бизлерди уятқа қалдырмайды. Өйткени Қудай бизлерге берген Мухаддес Руўхы арқалы жүреклеримизди Өз сүйиспеншилигине толтырды» (Рим. 5:3–5). Буның мәниси төмендегиден ибарат: ҳәтте, биз түсинбеген жағдайда да, Қудай өмиримизде ҳәрекет етеди. Бирақ егер биз Оған жәрдем етсек, онда Оның ҳәрекети еле де тәсирлирек болады. Бул — жеңиске қарай апаратуғын жол болып табылады! Топардағы сабақлар Роллерге бөлинип, шынығыў өткизиў: Сиз Абдул сыяқлы, аз-маз болса да еркинликке ийе болған елде жасайсыз. Бирақ сизиң елиңизде масихыйларды жек көреди ҳәм олар сан жағынан аз. Ҳүкимет басына масихыйларға қарсы болған экстремистлер келеди ҳәм олар сизиң қәўимиңизди жоқ қылатуғынын айтып, қорқытады. Олар жасырын түрде жергиликли экстремистлерге ғыжжақ берип, сизиң жәмәәтиңиздиң имаратын жағып жибериўге ийтермелей баслайды. Буннан тысқары, масихыйларды жумыста қысқыға алып, ҳәтте, оларды жумыстан шығарып жибереди. Сиз буған қандай қатнаста боласыз? Сизде қандай жоллар бар? Ҳәр бир жолды иске асырыў ушын не қылыў керек? Ойланып көриңлер, Абдулда қандай жол бар еди ҳәм ол дурыс шешим қабыл етти ме, соны талқылаң. Талқылаў ушын сораўлар: 1. Усы сабақта келтирилген дәлиллер сизди руўхый түскинликке салыўы мүмкин. Бирақ сиз масихый сыпатында қандай сезимлерге ийе болыўыңыз керек? 2. Масихтан үлги алған ҳалда күшли басымға қандай қатнаста боласыз? 3. Бизиң шеккен азапларымыз Масихқа деген садықлығымызды ҳәм Оның бизлер ушын азап шеккени ҳаққында түсинигимизди қалай беккемлей алады? 4. Өз жумысын сақлап қалыў, өзин ҳәм хожалығын жақлаў ушын, масихыйлар исенимин жасыра ала ма? 5. Қалайынша айырым масихыйлар қуўдалаўларға себепши болыўы мүмкин? Сизде бул бойынша жеке мысаллар бар ма? 6. Өзин ҳәм өз хожалығын қорғаў ушын масихыйдың қурал-жарақ ислетиўи нызамға туўры келе ме? Бул ҳаққында Мухаддес Китап не дейди? Усы машқаланы топар менен талқылаң. 7. Қурал-жарақ алып жүриў ямаса оннан бас тартыў бойынша Мухаддес Китап исениўшиниң пуқаралық миннети менен оның жеке жуўапкершилиги арасына айырмашылық қоя ма? Бул сораўды Мухаддес Жазыўдың белгили жерлерине берилген силтеме менен биргеликте талқылаң. II БӨЛИМ Жәмәәт Төртинши бап Жәмәәт дегенимиз не? Масих — исениўшилер жәмәәтиниң, яғный Өз денесиниң басы ҳәм жәмәттиң тийкары. Ол ҳәмме нәрседен жоқары болыў ушын, өлилер ишинен биринши болып тирилди. Колоса 1:18 Ҳиндистанның арқа-шығысында жасаўшы бир қәўимниң кәмбағал масихыйлары өмирине үлкен қәўип туўып турса да, басқа қәўимдеги исенимге жақында келгенлерди қоллап-қуўатлады. Сол қәўимниң басшысын, басшысының ҳаялын ҳәм он жасар қызын гүўалық айтқаны ушын өлтирген еди. Судан қамақханасында бир шопан бурын мусылман болған жас исениўшини бирге ислескенинен пайдаланып, сабырлылық пенен тәрбиялады. Қамақтан азат болғаннан соң, жас масихый Масихтың күшли гүўасына айланды. Мәдений раўажланыў ўақтында, Қытайда исениўшилердиң кишкене топары үлкен болмаған дүкәнниң артқы бөлмесинде ҳәр ҳәпте жыйналып туратуғын еди. Дүкәнға кирген ҳәр бир адам аңсат еситетуғын болғанлықтан, олар биргеликте алғыс қосықларын сөзсиз ҳәм намасыз «айтатуғын еди». Олардың арасында бири қосықтың атын сыбырлайтуғын ҳәм сонда пүткил топар үнсиз, еринлерин қыймылдатып, ишлеринен айтқан. Совет Россиясында масихыйлар топары Масих ҳаққында гүўалық айтыў ушын, бир исениўшиниң кишкене қызының жерлениў рәсиминен пайдаланған еди. Қәбирстанға баратырған жолда, олар ҳәр жүз шақырым жерде тоқтап, алғыс қосықларын айтқан. Қайтыс болған қыздың әкеси де Масих арқалы қутқарылыў ҳаққында анық гүўалық берген еди. Жолаўшылардың көбиси еситкенлеринен терең тәсирленди. Вьетнамда шопан Хо Хье Ха (Ho Hieu Ha) тез өсип баратырған жәмәәтте ислеген хызмети ушын алты жыл қамақта болды. Ол өзиниң қамақта болған ўақтын босқа кетпеди деп есаплады. Себеби ол бул ўақытты өзи менен бирге қамақта болған адамларға хызмет етиў ушын пайдаланды. Қамақтан азат боламан дегенше, ол Масихқа тоқсан тоғыз адамды алып келип, оларды исенимде өсирип барды. Мухаддес Китапта жәмәәт «Қудайдың атызы ҳәм имараты», «Масихтың денеси» ҳәм «Оның үйи» деп аталады (Коринф. 1-х. 3:9; 12:13, 27; Евр. 3:6 ға қараң). Және де, ол Масихтың қалыңлығы ҳәм ҳаялы деп аталады (Аян 19:7–9; 21:2, 9; Ефес. 5:22–33 ке қараң). Усы әпиўайы бийнелердиң ҳәммеси жәмәәттиң имарат ҳәм адамлардың шөлкеми емес, ал руўхый бирлик екенин түсиниў ушын берилген. Жәмәәтти усылай надурыс қабыл етиў — исениўшилердиң ең көп таралған қәтеси болып табылады. Тийкарында ҳәм биринши гезекте, Ийса Масихтың жәмәәти руўхый түсиник екенин түсиниў жүдә әҳмийетли. Петр Ийсаның Масих, тири Қудайдың Улы екенин жәриялағанда, Ийса усы уллы ҳақыйқаттың беккем «тасында» Өз жәмәәтин қурыўды ўәде етип, оны дозақтың күшлери де жеңе алмайтуғынын айтқан еди (Матта 16:13–18 ге қараң). Жаңа Келисимге сай, Петр сыяқлы Ийсаны Масих деп тән алып, Оған Қутқарыўшы ҳәм Ийе деп исенген адам «жоқарыдан туўылады» (Юхан 3:1–7 ге қараң). Бул жаңадан туўылыў — адамның жүрегин Қудайдың Руўхы ушын ашатуғын руўхый тәжирийбе. Қудай ашық жүрекке кирип, сол жерде жасайды. Солай етип, адам Қудайдың «руўханийи» болып, Қудайдың мухаддес дәргайына туўры кире алады (Петр. 1-х. 2:5, 9; Евр. 4:16 ға қараң). Жеке адамның Масих пенен усындай өз ара қарым-қатнасы руўхый жақтан терең болып, Ийса Өзине исенген адамларды руўхый дене, яғный Өз жәмәәти қылып бириктиреди. ЖӘМӘӘТКЕ ҚОЙЫЛАТУҒЫН ТИЙКАРҒЫ ТАЛАПЛАР Мухаддес Китап жәмәәтке тийкарғы үш талап қояды: 1. Масихқа деген исеним Биз Ийса Масихқа өзимизге жоқарыдан туўылыў беретуғын Ийемиз ҳәм Қутқарыўшымыз деп исениўимиз тийис (Юхан 3:1–17; Коринф. 2-х. 5:17 ге қараң). 2. Масихқа исениўши еки яки үш адам Исениўши бир адам жәмәәт бола алмайды. Өйткени жәмәәт «тири таслардан» ибарат болып, көп «мүшелерге» ийе дене болып табылады (Петр. 1-х. 2:5; Коринф. 1-х. 12:12; Матта 18:20 ға қараң). 3. Ийсаға ҳәм бир-биримизге деген садықлық Масих жәмәәттиң басы ҳәм Оған бойсынбайтуғын жәмәәт жәмәәт болыўы мүмкин емес. Ийемиз исениўшилерди айрықша қарым-қатнаслар тийкарында бирлесиўге шақырады. Бул Мухаддес Китапта «қуралып барыў» деп аталады (Ефес. 2:22 ге қараң). Масихтың Өзи усы қарым-қатнасларда масихыйларды бирлестирип, оларды бир-бирине деген ғамхорлыққа қарай бағдарлайды (Коринф. 1-х. 12:25–26 ға қараң). Бул арқалы усындай жәмәәттиң әпиўайы адамлар шөлкемин емес, ал Қудайдың исин көрсететуғыны анық. Усы тәлийматты изертлеп барған сайын, жәмәәтке байланыслы көп қәте көз қараслар бар екенин көремиз. Жәмәәт имарат ҳәм адамлар шөлкеми болмағанлықтан, оның басында адам турмаўы ҳәм ол «қол қойып дуўа етилген» адамлар ямаса «хызметшилерге» мүтәж емес екенлигин умытпаўымыз тийис. Айтылғанлардың ҳәммеси жәмәәт өз шопанларына қол қойып дуўа етиў керек емеслигин яки жәмәәтти басқарыў бойынша Қудайдан алған қәбилетлерге ийе адамларды Хош Хабарды жәриялаўдан шетлетиў кереклигин аңлатпайды. Және де, таярлыққа ҳәм тәжирийбеге ийе емес адамлар жәмәәтке хызмет етиў исинде өзине жуўапкершилик алыў керек дегенди аңлатпайды. Қол қойып дуўа етиў руўхый сыйдан ҳәм Қудайдың сөзин салдамлы түрде үйрениўден дерек берсе, онда бул жәмәәт ушын баҳалы болыўы мүмкин. Бирақ бул үстемлилик ямаса диний «топарларға» айырылыўдың нышаны болса, онда бул Масихтың денеси ушын күшли тосқынлық болады. Ҳәр қандай жағдайда да, қол қойып дуўа етилген адамлар ҳәм рәсмий түрде тән алынған адамлар жәмәәтте «хызметшилер» болыўы шәрт. Олардың қатнасыўы баҳалы болыўы мүмкин. Бирақ қуўдалаўлар ўақтында жәмәәттиң аман қалыўы ушын ол онша әҳмийетли емес. Ҳүкимет тәрепинен тән алынған бундай жәмәәт басшылары әпиўайы рәсимлер болған неке қыйыў ямаса жерлеў рәсимлерин орынлаў ушын зәрүр болыўы мүмкин. Деген менен, бул ис Мухаддес Китапта жәмәәттиң тийкарғы ўазыйпасы деп тән алынған ба? Мухаддес Жазыўда бизиң исениўши сыпатында жасаўымыз бойынша айтылған биринши нәрсе — бул исеним менен жасаўға байланыслы. Жоқарыдан туўылыў ҳәм жүреклеримизде Мухаддес Руўхтың болыў кәраматы бизиң күнделикли өмирмизде көриниўи тийис. Масихқа бойсыныў ҳәм басқа исениўшилердиң ийгилиги ушын садықлық сыяқлы негизлер тек негизлер болып қалмаўы керек. Ал олар масихыйлардың өмирине тәсирин тийгизиўи шәрт. ЖӘМӘӘТТИҢ ўаЗЫЙПАЛАРЫ Ийса Масих Өз жәмәәтине орынлаў ушын бес тийкарғы ўазыйпаны жүкледи. Бизлер Хош Хабар жәриялаўымыз (Матта 28:19 ға қараң), шәкиртлерди тәрбиялаўымыз (Матта 28:20 ға қараң), Қудайдың сүйиспеншилигин көрсетип, адамларға хызмет етиўимиз (Матта 22:39; Ефес. 4:12 ге қараң), бир-биримиз бенен қарым-қатнас жасаўымыз (Ефес. 2:19; Галат. 6:10 ға қараң) ҳәм биргеликте Қудайға сыйыныўымыз шәрт (Матта 4:10; Юхан 4:23 ке қараң). Усы ўазыйпалардың ҳеш қайсысы да биринши дәрежели болмай, олардың ҳәммеси теңдей әҳмийетли. 1. Хош Хабар жәриялаў Егер биз Масихты Ийемиз ҳәм Қутқарыўшымыз деп билиў түсинигине жетип келген болсақ, онда бул әжайып сезимлерди өзлеримиз жақсы көрген адамлар менен сөзсиз бөлисиўди қәлеймиз. Гейде досларымыз ямаса ағайин-туўғанларымызға Хош Хабар жәриялаў қыйын ҳәм қолайсыз ис болып көриниўи мүмкин. Бирақ егер бизлер өзлеримизди қоршаған адамларды ҳақыйқаттан жақсы көрсек ҳәм олардың мәңгиликте Масихсыз азап шегетуғынына исенсек, онда биз әлбетте қолайсыз мәдений ҳәм сиясий жағдайға қарамастан, оларға Қудай туўралы айта баслаймыз. Батыл адамлар Хош Хабарды өз досларына ҳәм ағайин-туўғанларына сүйиспеншилик ҳәм ҳүрмет пенен айта алыўға мүмкиншилик таба алады. Қудайдың қутқарыў жобасы ҳаққында айтыўға деген умтылыс бизиң Қудай менен қарым-қатнасқа ийе екенлигимизди билдиретуғын ең әҳмийетли дәлиллердиң бири болып табылады. Буннан тысқары, бул жәмәәттиң баслы ўазыйпаларының бири. 2. Шәкиртлерди тәрбиялаў Бизиң жақынларымыздың бири Масихқа келиўден-ақ, биз оған Ийемиз бенен қарым-қатнаста өсип барыўға жәрдем бериўимиз тийис. Батыс еллериндеги мәмлекетлик жәмәәтлерде адам жәмәәтке үзликсиз келиўи ҳәм ўазларды тыңлаўы арқалы, өзине керекли ҳәмме нәрсени өзи үйрене алады, деп есаплайды. Бундай көз қараста анық қәте бар. Айырым мәдений әдетлерге сай, басқа адамның өмирин қутқарған адам ол ушын жуўапкершиликке ийе. Бул — масихыйлар ушын жақсы үлги. Егер биз бир адамды Масихтағы жаңа өмирге әкелсек, онда биз оның Мухаддес Китаптың не үйреткенин билиўи бойынша жуўапкершиликке ийемиз. Мухаддес Китап руўхый өсиўимиз ушын жүдә әҳмийетли. Сонлықтан көп масихыйлар кимди Ийемизге әкелиўден үмит етсе, сол адамға Мухаддес Китапты бериўге ҳәрекет етеди. Россия ҳәм Қытай сыяқлы еллерде масихыйлар көплеген жыллар даўамында Мухаддес Китапсыз жасады ҳәм бул жүдә қыйын болды. Олар Мухаддес Китап аятларын бурын масихый радио бағдарламасын тыңлаўы арқалы ядлаған исениўшилерден ядлап алған. Көп жыллар даўамында Мухаддес Китаптан айырылған масихыйлар арасында оған деген мүтәжлик Мухаддес Китаптың масихыйлардың өмиринде қаншелли әҳмийетли екенин анық сүўретлейди. Масихыйлар ушын жасаў жағдайы қолайсыз болған елде Масихқа исениўшилер Мухаддес Китап нусқаларын сақлаў ҳәм оны даўам етип үйрениў ушын күшли тапқырлық көрсетеди. Гейбир жағдайларда олар Мухаддес Китапты бөлимлерге болып, өз алдына кишкене китапшалар қылады. Мухаддес Китапты жоқ қылыўды қәлеўшилердиң көпшилиги оны бундай ҳалында таный алмайды. Буннан тысқары, усындай жағдайда Мухаддес Китаптың бир нусқасы менен бирдей ўақыттың өзинде көп адамлар қоллана алады. Жағдай қандай болыўына қарамастан, исенимге жақында келген адамның Мухаддес Китапты үзликсиз оқып барыўы жүдә әҳмийетли. Мухаддес Руўх исениўшилер топарын жыйнап, жәмәәт шөлкемлестирсе, олардың бес ўазыйпаны орынлаўы жәмәәт болғанының дәлили болып табылады. Олар: Хош Хабар жәриялаў, Мухаддес Китапты үйрениў, қарым-қатнас жасаў, хызмет етиў ҳәм сыйыныў болып табылады. Кишкене, рәсмий емес жәмәәтлер биргеликте сыйыныў ҳәм қарым-қатнас жасаў мүмкиншилигине жийи-жийи қуўанады. Бирақ оларға Мухаддес Китапты үйрениў ҳәм өзлерин қоршаған дүньяға Хош Хабар жәриялаў қыйынға соғады. Солай болса да, бул ўазыйпаларға ҳеш қашан да немқурайды қарамаў керек. Егер елде Мухаддес Китапты үйрениў бойынша билим бериўши орайлар жаўылып атырған болса, онда жергиликли жәмәәтлер исениўшилерге Қудайдың сөзин үйретиўди миннетли ўазыйпа қылып алыўы керек (Тимоф. 1-х. 2:2 ге қараң). Бундай тәлим бериўди жеке түрде алып барыўға болады ҳәм сонда жетилискен масихый менен жас исениўши усы мақсетте өз алдына ушыраса алады. Мухаддес Китапта жас жәмәәтлердиң басшылары усы тәризде таярлықтан өткени бойынша көп мысаллар бар. Масихтың Өз шәкиртлерине тәлим бергени туўралы айтылған ҳәммеге белгили болған мысалдан басқа, Барнабаның Маркқа тәлим бергенин (Ел. исл. 12:25; 15:39 ға қараң), Прискилла ҳәм Акиланың Аполосқа жәрдем бергенин (Ел. исл. 18:24–26 ға қараң), ал Павелдиң Тимофейди хызметке таярлағанын көремиз (Ел. исл. 16:1–3 ке қараң). Павел жас шәкиртлерге тәрбия бериў бойынша өз усылларын кең түрде баянлап береди. Бириншиден, Павел өзи үлги болыўы арқалы, оларға тәлим берди (Коринф. 1-х. 4:16 ға қараң). Буннан тысқары, ол өзин толығы менен шәкиртлерине бағышлады, олар менен бирге жасады, олар менен өзинде болған ҳәмме нәрсесин бөлисти (Ел. исл. 20:34 ке қараң). Оның шәкиртлери менен болған өз ара қарым-қатнасы шәкиртлер ҳәм устаз деген негизде дүзилмеди. Олар еле де тығызырақ ҳәм жақынырақ болды (Тимоф. 1-х. 1:1–2 ге қараң). Тәлим алыў барысында-ақ, Павел шәкиртлерине белгили жуўапкершиликти жүклеген, ҳәтте, олар шопан болғаннан кейин де, олар менен қарым-қатнас жасап турған (Тимоф. 1-х. ҳәм 2-х. ҳәм Титусқа қараң). 3. Адамларға хызмет етиң Бизлер масихыйлар сыпатында басқа адамлардың руўхый мүтәжликлерин түсиниўимиз ҳәм мүмкиншилиги болғанынша, исениўши туўысқанларға да, өзлеримизди қоршаған исенбейтуғын адамларға да бәрқулла жәрдем етиўимиз тийис. Қоллап-қуўатлаўшы сөз ямаса кишкене жақсы ис Масихтағы ер ямаса ҳаял туўысқанымызды душпанның ҳүжимлерине қарсы тура алыўы ушын шешиўши жағдай болыўы мүмкин. Хызмет етиў — Қудайдың сүйиспеншилигин басқа адамларға олардың мүтәжликлерин қанаатландырыў ямаса Ийсаның аты менен олардың жарақатларын шыпалаў арқалы көрсетиў болып табылады. Биз басқа адамлар ушын бир нәрсени сүйиспеншилик пенен ислемекши болған ҳәр бир жағдайда, оларға хызмет етемиз. Жәмәәт мухаддеслерди хызмет етиўге таярлаўы керек (Ефес. 4:12 ге қараң). 4. Бир-биримиз бенен қарым-қатнас Биз масихыйлар сыпатында Масихқа тек исениў ушын емес, ал Оған толық тийисли болыў ушын шақырылғанбыз. Бул — бизлердиң басқа исениўшилерден бөлек түрде, өзимиз бенен өзимиз жасай алмайтуғынымызды аңлатады. Биз Оның денесиниң ҳақыйқый мүшелери, Қудайдың шаңарағының бир бөлеги болыўымыз ушын шақырылғанбыз. Солай етип, масихыйлар ушын биргеликте ўақыт өткизиў, руўхый өмиримиздиң тәжирийбеси менен бөлисиў ҳәм бир-биримизди қоллап-қуўатлаў жүдә әҳмийетли. Бундай қарым-қатнасқа кесент етиў ушын, шайтан ҳәр қандай мүмкиншиликтен пайдаланады. Ол исениўшилердиң бир-бирин беккемлеўи кереклигин биледи. Сонлықтан ол исениўшилер арасындағы айырмашылыққа дыққат аўдартыўға яки бул мақсетте ҳәр қандай жағдайларды қолланып, қарым-қатнас жасаўына тосқынлық қылыўға ҳәрекет етеди (Евр. 10:24–24 ке қараң). Масихыйларды қоллап-қуўатлаў ушын, Ийемиз рәсмий емес ямаса, ҳәтте, тосаттан болған ушырасыўларды әсиресе Қудайға рәсмий түрде хызмет етиў ҳәм көп санлы адамлар топарына қарым-қатнас жасаў қадаған етилгенде қолланыўы мүмкин. Әлбетте, көп санлы адамлардың жыйналыўы пайдалы. Бирақ негизинде, кишкене топарларда болған исениўшилерге керекли жәрдемди көрсетиў мүмкиншилиги көбирек. Себеби ол жерде жеке қарым-қатнас болып, олардың мүтәжликлерин кеңирек талқылаўға болады. 5. Биргеликте сыйыныў Барлық ҳақыйқый исениўшилер өз ўазыйпасын ҳәм Қудайға сыйыныў ҳуқықын тән алады. Бул түсиник Мухаддес Руўх пүткил өмиримиз бойы бизлер менен бирге болып, жүреклеримизге жасаў ушын кирип келгенде басланады. Ҳәр бир исениўши мүмкин болған ҳәр қандай жағдайда, яғный Ийемизге жеке түрде де, басқа исениўшилер менен биргеликте улыўма жыйналысларда да сыйыныўы тийис. Биз Ийемизге Қудай болғаны ушын, Оның жаратылыста ҳәм қутқарылыў исинде ҳәммемиз ушын ислеген ислери ҳәм ҳәр биримиз ушын туўрыдан-туўры ислеп атырған ислери ушын сыйыныўымыз керек. Мухаддес Китапта исениўшилердиң Қудайға сыйыныўы тийис екенлиги айтылып, олар буны не ушын ислеўи кереклиги де түсиндириледи. Деген менен, ол жерде қалай сыйыныў кереклиги дерлик айтылмаған. Жәмәәтте бутқа табыныўшылық динлеринде қолланылатуғын сыйыныўдың көп түрлерине (сүўретлерге сыйыныў, адамның өзин өзи қыйнаўға салыўы ҳәм денени қыйнаў, ҳайўанларды қурбанлыққа бериў ҳәм усыларға усаған салт-дәстүрлер) орын жоқ екени анық. Жәмәәтте Қудайға сыйыныў Оған алғыс-мақтаў айтыўдан ибарат болыўы тийис. Бул өмиримиздеги жағдайлар менен байланысқа ийе болмаған бизиң еркимиздиң иси. Басқаша айтқанда, бизлер Қудайды, ҳәтте, кеўилсиз жағдайлардың қысқысында болған жағдайда да алғыслаўымыз керек. Және де, бул — Оның қудайлық еркине бойсыныў ҳәм Ийемизге унаўға тырысыў болып табылады (Забур 66:4; Евр. 13:15; Ийшая 12:4 ке қараң). Сыйыныўдың адамның Қудайға деген қатнасы екенин умытпаўымыз тийис. Бул дуўа етиў, дизе бүгиў, қосық айтыўдан ибарат. Исениўшилердиң көпшилик бөлегиниң шын жүректен сыйыныўында музыка әҳмийетли орын тутады. Исениўшилердиң сыйыныў түри олардың мәдений дәстүрлерин сәўлелендириўи тийис. Егер олар Мухаддес Китапта айтылғанларға қайшы келмесе, онда исениўшилер олардың жәрдеминде Қудайға деген ҳүрметин көрсетеди. ЕРТЕ ЗАМАНДАҒЫ ЖӘМӘӘТТИҢ ҮЛГИСИ Қуўдалаўлар ўақтында, ерте замандағы жәмәәт өзиниң бес баслы ўазыйпасын бәрқулла орынлап келди. Қуўдалаўларға қарамастан, жәмәәт бул мәселени қалай орынлап келгенин қарап шығайық. Жәмәәт пайда болған ўақыттың ең басында ҳүкимет халық алдында Қудайға хызмет етиў жыйналысларын өткизиўге рухсат етти. Петр мыңлаған адамларға Елиўинши күни байрамында (Ел. исл. 2:1–41 ге қараң) ҳәм аяғы ақсақ адам шыпа тапқаннан соң, Ибадатханада (Ел. Исл. 3:1–26 ға қараң) ўаз айтқан еди. Кейин ала болса, исениўшилерге Ийса ҳаққында айтыў қадаған етилди. Олар бойсыныўдан бас тартқанда (Ел. исл. 4:1–31 ге қараң) қуўғынлар басланды. Қудайға хызмет етиў жыйналыслары кем-кемнен жәмийетлик орынлардан жеке үйлерге көширилди (Ел. исл. 5:42 ге қараң). Сол ўақытлары көп исениўшилер Ерусалимнен қашып кетти. Тарқалып кеткен исениўшилер өзлери менен бирге Хош Хабарды алып келди (Ел. исл. 8:4 ке қараң). Бул жерде сөз елшилер ҳаққында емес, ал әпиўайы исениўшилер ҳаққында екенин атап өтиўимиз керек (Ел. исл. 8:1 ге қараң). Тарқалып кетиў нәтийжесинде, исениўшилер елши болып, рәсмий түрде тән алынған жәмәәттиң жәрдемисиз басқа адамларға жүзбе-жүз гүўалық айтты. Солай етип, қуўдалаўлар жәмәәтти жоқ қылмады. Ал керисинше, оның беккемлениўине ҳәм оның ағзаларының көбейиўине себепши болды. Усыннан соң, Петрге Корнилий ҳәм Корнилийдиң үйинде жыйналып отырған оның дослары ҳәм ағайин-туўғанлары менен сөйлесиў буйырылды (Ел. исл. 10-бапқа қараң). Сол ўақытқа келип, Павел исениўши болып, басқа миллетлерге Ийса ҳаққында Хош Хабар айтыўы арқалы өз хызметин баслаған еди. Дәслеп ол мәжилисханаларда ўаз айтты, бирақ оның сөзлерин қабыл етпегенде, ол өзин тыңлағысы келген ҳәмме жерде ўаз айта баслады. Мысалы: Коринфте бул ушын ол меншик үйден пайдаланды (Ел. исл. 18:1–7 ге қараң), Ефесте ол барлық тыңлаўшыларды оқыў орнына жыйнады (Ел. исл. 19:1–10 ға қараң), ал Филипте дәрья жағасында тәлим берди (Ел. исл. 16:12–13 ке қараң). Ерте заманлардағы масихыйлар Ийсаның қутқарыўшы күши ҳаққында мүмкиншилиги болғанынша, бәрқулла ҳәм ҳәмме жерде гүўалық берип жүрди. Мухаддес Жазыўдың нусқалары жүдә аз болғанын атап өтиў керек. Солай болса да, ерте заманлардағы жәмәәт өз тәлийматын Қудайдың сөзине тийкарлады, Мухаддес Китаптағы аятларды ядтан келтирди. Масихыйлар қуўдаланып атырған еллерде, масихыйлар Хош Хабарды тарқатыў бойынша усы жолды пайдаланыўы тийис. Ҳәр қандай мүмкиншиликтен пайдаланған ҳалда, ҳәр бир масихый Масих ҳаққында айтқанда, тек Мухаддес Жазыў ҳәм Мухаддес Руўхтың күшине сүйенип айтыўы тийис. Ийса Масих арқалы қутқарылыў ҳаққында Хош Хабарды тарқатыўға қосымша сыпатында, ерте заманлардағы жәмәәт исенимге жақында келгенлерди тәрбиялап та барды. Олар тәлим алыў ушын қай жерде ушырасқанын билмеймиз. Өйткени мәжилисханаларда оларды қабыл етпеди. Мүмкин, олар меншик үйлерде жыйналған болса керек. Елшилердиң ислери китабы бизлерге Масих ҳаққында Хош Хабарды тарқатқаннан соң, исениўшилер даўам етип шәкиртлерди тәрбиялап барғанын баянлайды. Бул мақсетте Ерусалим жәмәәти Барнабаны Антиохияға жиберген еди (Ел. исл. 11:25–26 ға қараң). Исенимге келгенлерге жубаныш бериў ушын, Павел өзи табыслы түрде ўаз айтқан қалаларға және қайтып келетуғын еди (Ел. исл. 14:21–23 ке қараң). Ал кейин ала, ол Ерусалимге баратуғын жолда усы қалаларда және тоқтап өтти (Ел. исл. 20:6–8 ге қараң). Хатларға жазылған түсиндирмелер арқалы Юхан ҳәм Яқыптың да шәкиртлердиң тәрбиясы менен шуғылланғаны мәлим болады. Көп жағдайларда бундай устазлық қылыў исениўшиниң ең қымбатлы исин көрсетеди. Бул қаслық жағдайда ислеў керек болған ең әҳмийетли ис екени анық. Бундай устазлық ҳәр түрли ўақытта ҳәм ҳәр түрли жерлерде иске асырылыўы, сабақлардың ўақты ҳәр түрли болыўы мүмкин. Себеби усы азатлықтың жоқ болыўы топарларда сабақ өтиў ушын машқала болады. Шәкиртлерди таярлаў ўақты ҳәм орны әҳмийетке ийе емес. Топар кишкене ме, яки онда тек бир ғана шәкирт бар ма, бул да әҳмийетли емес. Әҳмийетлиси тәлим Қудайдың сөзине тийкарланған болып, туўысқанлардың Масихта ҳәм масихый хызметте беккемлениўин ҳәм жигерлениўин гөзлеўи тийис. Ерте заманлардағы жәмәәтте Хош Хабар жәриялаў ҳәм тәлим бериўге қарағанда, онда қарым-қатнас қандай болғанын анықлаў қыйынырақ. Өйткени ол тийкарында масихыйлардың бир-бирине деген кеўил жақынлығы көринеди. Рәсмий жәмәәтлер өз хызметиниң бағдарламасына ҳәр ҳәпте қарым-қатнас қылыўды киргизиўине болады. Бирақ бул қарым-қатнас ҳақыйқый бола ма? Бул исениўшилердиң бир-бирине деген ҳақыйқый қарым-қатнасына байланыслы. Ерте заманлардағы жәмәәтте қарым-қатнас бирге аўқатланыў менен тығыз байланыслы болды. Сол аўқатланыў ўақтында, Ийемизди еслеў кешесиниң әҳмийетли бөлеги «нан сындырысыў» болған еди (Ел. исл. 2:42, 46 ға қараң). Коринф жәмәәтиниң тәжирийбесинен биз бир пайдалы сабақ алсақ болады. Сол жәмәәттеги қарым-қатнас Ерусалимдеги қуўанышлы жыйналыс пенен кескин өзгешеликке ийе болды. Негизинде, коринфлилерде қарым-қатнас болмады. Себеби олар бөлинип кеткен еди. Олардың «сүйиспеншилик кешелери» бирге қарым-қатнас қылыўдың орнына өз ара тартыслар ўақтына айланатуғын еди (Коринф. 1-х. 11:17–30 ға қараң). Егер Ерусалим жәмәәти өз машқалаларын сүйиспеншилик пенен шешкен болса, коринфлилер, ҳәтте, өзлериниң исеними бир туўысқанларын Қудайға исенбейтуғын адамлар ҳүким ететуғын ҳүкимханаларға апаратуғын еди (Коринф. 1-х. 6:1–8 ге қараң). Олар ушын Ерусалимде мүтәжликте жасап атырған масихыйлар ушын қурбанлық жыйнаў қыйын болды (Коринф. 2-х. 8:6, 10–11; 9:15 ке қараң). Бул таң қаларлық жағдай емес. Олардың өз жәмәәтинде қарым-қатнас ҳәм мийримлилик болмағанлықтан, Ерусалимдеги бийтаныс туўысқанларға деген мийрим-шәпәәт де жоқ еди (Юхан 1-х. 4:20 ға қараң). Павелдиң Коринфтеги жәмәәтке жазған хаты усы ескирген машқалаларды шешиў мақсетине ийе болды. Жаңа Келисим исениўшилериниң қарым-қатнасы ашық болып, бир-биреўге деген сүйиспеншилик ҳәм ғамхорлық жағдайында өтти. Олардың қарым-қатнасы жыйналыслар, шөлкемлер, белгили бағдарламалар шегарасындағы ислерден ғәрезли болмады. Олар бир-бирине жәрдем етти, бир-бириниң аўырманлығын бөлисти ҳәм бир-бири ушын дуўа етти. Рим ҳүкиметиниң масихыйларға қарсы жаратқан барлық тосқынлықларына қарамастан, бундай қарым-қатнаслар раўажланып бара берди. Жәмәәтке деген мәмлекеттиң қарама-қарсылығы қаншеллиги жаўыз болған болса, Масихтың денеси ушын ҳақыйқый қарым-қатнас соншелли үлкен әҳмийетке ийе болды. Мухаддес Китапта айтылыўы бойынша, дүнья масихыйларды олардың бир-бирин қалай сүйетуғыны арқалы таныйды (Юхан 13:35 ке қараң). Бир-биреўге деген сүйиспеншилик исенимниң күшли сыртқы көриниси болыўы мүмкин. Аўқатланыў ўақтында, бай туўысқанлар исенимдеги басқа туўысқанлар менен дастурханындағы толы азық-аўқат пенен бөлисе алатуғын еди. Жарылқаўдағы бундай биргеликте қатнасық ҳақыйқый қарым-қатнастан ибарат болған сүйиспеншилик ҳәм ғамхорлықтан дерек береди (Ел. исл. 2:41–42, 44–47; 34–35 ке қараң). Хызметтиң бундай түри Ерусалим жәмәәтинде қәўип астында болды. Өйткени азық-аўқат бөлистирилгенде, айырым жесир ҳаяллар өзлерине көрсетилген менсинбеўшилик себепли шағым жасаған еди (Ел. исл. 6:1–4 ке қараң). Бул машқаланы хызметшилерди тайынлаў арқалы тез арада шешти. Сол хызметшилер исениўшилердиң қарым-қатнасына жәрдем берип, тапсырманы ғайрат пенен орынлай баслады. Усы жыйналыста жәмәәттиң мүтәж болған ағзаларына ғамхорлық көрсетилгенин көремиз. Бул әтираптағы адамларға да хызмет еткен болыўы мүмкин. Өйткени Мухаддес Жазыўда олар «пүткил халықтың алғысына бөленди» деп жазылған (Ел. исл. 2:47 ге қараң). Басқа қалалардағы жәмәәтлер Ерусалим жәмәәтине бир неше рет ақшалай жәрдем жиберген еди. Бул усы жәмәәтлерге тийисли болған ҳәм ҳеш қашан бир-бирин көрмеген адамлар арасындағы тығыз байланыслардың дәлили болып табылады. Елши Юхан усындай қарым-қатнаслар ҳәм басқа масихыйларға деген сүйиспеншилик — елден-елге өтип, Хош Хабар жәриялап жүрген адамларды қоллап-қуўатлаўдан ибарат екенин жазған еди (Юхан. 3-х. 1–8 ге қараң). Заманагөй жәмәәтлер де буннан үлги алып, өз елшилериниң сапарлары ҳәм шет еллерге Мухаддес Китаптың нусқалары менен оқыў қуралларын жеткизиў ушын төлейди. Оннан бири ямаса жәмәәттиң мүшеси менен өз қаржың менен бөлисиў жәмәәттиң барлық ағзаларының мүтәжликлерин қандырыўда да жәрдем береди (Ел. исл. 4:34–35; Леб. 27:30–32: Евр. 7:4–5 ке қараң). Және де, Қудайдың даңқы қабыл етилетуғын сыйыныў, мухаддеслик ҳәм хызметлер бар. Сыйыныў — усы мойынлаўды көрсетиў болып табылады. Жаңа Келисим авторлары ҳәмме адам сыйынып биледи деп шамалаған болса керек. Олар ерте заманлардағы масихыйлардың қалай сыйынғаны бойынша бир неше мысал көрсеткен еди. Ийемиздиң кешесинде қатнасыў сыйыныўдың ең жоқары түри болса керек. Олар Қудайға сыйынды, дуўа етип, Ийсаны ҳәм Оның бизиң гүналарымыз ушын атанақ ағаштағы өлимин еске түсирди. Биргеликте Еслеў кешесин өткизиў ушын, Ерусалим жәмәәти жүдә үлкен болды. Сонлықтан исениўшилер үйлеринде сыйынды (Ел. исл. 2:41–47 ге қараң). Деген менен, Троастағы исениўшилер ҳәптениң биринши күни «нан сындырыў» ушын бир үйде жыйналатуғын еди (Ел. исл. 20:6–9 ға қараң). Ал Коринфтеги жәмәәт үлкен болыўына қарамастан, Ийемизди Еслеў кешесинде қатнасыў ушын бирге жыйналған. Оларда болған қәтешиликлер себепли, Павел Коринфлилерге жазған биринши хатында (11:17–30) баслы нәрселерди түсиндириўге мәжбүр болды. Және де, Мухаддес Жазыўда сыйыныўдың басқа түрлери де келтирилген. Мысалы: Петрдиң дуўасы (Ел. исл. 4:23–28 ге қараң), Павел менен Силаның қамақта болыўы (Ел. исл. 16:23–25 ке қараң). Ерте заманларда жәмәәттеги сыйыныў Ески Келисимдеги Муўса ҳәм Даўыттың сыйыныўы сыяқлы, жийи-жийи ҳәм тосаттан болған деп шамалаўға болады. Ол Қудайға шын жүректен бас ийиў ҳәм Оған алғыс-мақтаўдан ибарат болды. Ўақыт, орын ҳәм түрлерине байланыслы сыйыныўға қатаң талаплар қойылмаған. Ерте заманлардағы сыйыныў қандай аўҳал болыўына ҳеш итибар берместен, Ийемиз себепли қуўанған жүректиң миннетдаршылық билдириўи болып табылады. Бундай сыйыныўды иркип, тоқтатып таслаўға ҳеш кимниң де қурбы жетпейди. Қаслық жағдайда болған масихыйлар топары имарат, белгили ўақыт, алдын ала ислеп шығылған бағдарламалардан ғәрезсиз түрде, усылай әпиўайы түрде сыйыныўына болады. ЖӘМӘӘТТИҢ ХЫЗМЕТИ Жәмәәт алдына қойылған мақсетлерге байланыслы, Масих жәмәәтке орынлаўды буйырған Ийемизди Еслеў кешеси ҳәм Суўға шомылдырыў рәсимлерин еслеп өтиў орынлы болады (Лука 22:19; Матта 28:19 ға қараң). Булар сыйыныўдың жүдә әҳмийетли түрлери, Масихқа қулақ асып жасаўшы жәмәәт турмысының тийкарғы түрлери болып, оларды мүмкиншилиги болғанынша, ҳәр сапары орынлап жасаў тийис. Және де, усы еки рәсим жәмәәттиң бес ўазыйпасын сәўлелендиретуғынын атап өтиў қызық болады. Олар басқа адамларға бизлердиң Масихтағы аўҳалымыз туўралы гүўалық береди (Хош Хабар айтыў). Олар басқа адамларға усы аўҳалдың (шәкиртлик) тийкарын түсиниўге жәрдем береди. Олар масихыйларды гүўалықлары ҳәм Қудайдың сүйиспеншилигин биргеликте сезиў (қарым-қатнас) бойынша бириктиреди. Және де, олар бизиң дыққатымызды Масихқа қаратады (сыйыныў). Усы еки рәсим тийкарында, бизлер Масихтың сүйиспеншилигине бөленип, хызмет етиўге байланыслы берилген шақырық пенен жаңа өмирге қарай өсип барамыз (хызмет). Усы еки рәсим бойынша мысалдан басқа, Мухаддес Китапта жәмәәттиң бес ўазыйпасы иске асырылатуғын усыллар ҳаққында аз сөз етилген. Жас жәмәәтлердиң хызметинде, тийкарында шет еллердеги жәмәәтлерде қабыл етилген усыллар қайталанады. Олар бизлер Жаңа Келисимде оқыған Масихтағы әпиўайылықтан алыс турады. Үлкен имаратлардан пайдаланыў, жәмәәт ишиндеги қыйын дүзилис, көп мақсетли бағдармалар, мектеплерди, емлеўханаларды, балалар үйлерин ҳәм басқа жәмийетлик ислерди тәмийинлейтуғын көп қаржы тек күшли экономикаға ийе, жәмәәт шөлкемлери ҳеш қандай шеклеўлерге ийе емес еллерде болыўы мүмкин. Ийемиз бундай хызметти дүньяның көплеген еллеринде жарылқаған. Деген менен, бундай жеделлик жәмәәттиң бар болыўы ушын шешиўши бола алмайды. Гейбир еллерде ол ҳүкимет тәрепинен қадаған етилген болса, басқа еллерде қыйын экономикалық жағдай себепли улыўма мүмкин емес. Солай болса да, ол жерде де жәмәәт гүллене алады. Себеби жәмәәт сыртқы нәрселерден ғәрезли емес. Масихыйлар буны түсинбегенде, оларда жүдә күшли машқалалар пайда болады. Буннан бир неше жыл алдын, Вьетнамда жәмәәтлердиң базы басшылары жәмәәт ислери ушын қаржы мүмкиншиликлериниң жоқлығы олардың елинде масихыйлардың санының әстен өсиўине себепши болып атыр деп шешкен еди. Күнлердиң биринде, коммунистлер ҳүкимет басына келместен бурын, мен мынадай сөзлерди еситтим: — Бизиң елимизде коммунистлер бар ма? — деп сорады жәмәәтке келиўши бир адам. — Аўа, әлбетте, — деп жуўап берди шопан. — Коммунистлердиң саны өсип, олардың тәсири күшеймекте, я? — деп саўал қойылды. Шопан жуўап бериўге екиленип, кейин муңлы түрде былай деп тән алды: – Аўа, олардың саны күшли тезлик пенен өспекте. — Сиз олардың жыйналатуғын жерин ҳәм олардың басшыларын таярлайтуғын мектеплерди көрсете аласыз ба? — деп сораўын даўам етти сол адам. — Әлбетте, яқ. Егер бул ҳүкиметке мәлим болса, оларды қамаққа салады, — деп жуўап берди шопан. — Сиз буны имарат ямаса мал-мүликке ийе емес сырлы шөлкем деп айтқыңыз келе ме? Солай болса да, олар саны жағынан өсип бармақта, — деди таң қалып сол адам. — Солай десе де, болады, — деп жуўап берди шопан. — Демек, олардың саны ҳәм тәсириниң күшейиўи бундай затларға байланыслы емес-ғо. Егер коммунистлер өз көз қарасында қәтелесип атырған болса да, бирақ саны жағынан ақша ҳәм имаратсыз өсип баратырған болса, онда сиз не ушын Ийса Масихтың жәмәәти усылардың ҳәммесине мүтәж деп есаплайсыз? Егер Қудай бизлерге қыйын жағдайларды жиберип атырған болса, оларды Қудайдың даңқы ушын ислетиң. Ал егер олай болмаса, есте тутыңлар: Жаңа Келисим жәмәәти ҳеш нәрсеге ийе емес еди. Бирақ солай болса да, ол пүткил дүньяны астан-кестен ете алды. Ерте заманлардағы жәмәәт жәмәәттиң ўазыйпаларын оның искерлигиниң усыллары менен алжастырмады. Олай болғанда, ол яҳудий легализминиң, яғный, нызам тәрепдарларының қысқысында набыт болған болар еди. Ерте заманлардағы жәмәәтлер имаратлар қурып, әўереленип жүрмеди ҳәм олардың жоқлығы себепли де қыйналмады. Исениўшилерге рухсат етилгенде, олар жәмийетлик орынларда ушырасты. Ал оларға қадаған етилгенде, олар үйме-үй жүрип, жыйналысты. Елши Павел мәжилисханалар өзи ушын ашық болғанда, сол жерлерде тәлим берди. Ал өзин мәжилисханалардан қуўғанда, ол меншик жайларда тәлим бере баслады. Гейде ол шәкиртлер менен дәрьялардың бойларында ямаса базар майданларында ушырасты. Олардың қасында исениўшилерди сыйыныў орнына шақыратуғын көрсетпелер яки жарнама тахталары болмады. Солай болса да, олар басқа исениўшилерди таўып, олар менен қарым-қатнас жасады. Бул әпиўайы дүзилистиң әҳмийети Елшилердиң ислери китабында көрсетилген (13:1–4). Антиохиядағы жәмәәт өзлериниң Қудай менен болған қарым-қатнасы үстинен ҳеш қандай шөлкемлескен бийликти тән алмaды. Мухаддес Руўх Павел ҳәм Барнабаны елшилер сыпатында ажыратып көрсеткенде, Антиохиядағы жәмәәт және биреўлерден олардың хызмети ушын рухсат сорап отырмады. Олардың искерлиги ҳеш қандай қыйын бағдарламалар менен жойбарларға аўырманлық салмады. Шопанлар тек олардың үстине қолларын қойып, дуўа етти де, Хош Хабар тарқатыў ушын жолға атландырды. Сол күнлерде жәмәәтте елшилик кеңеслер болмады. Солай болса да, онда жоқары елшилик жеделлик болды. Тағы да, ири қаржы тийкарлары да болған жоқ. Бирақ елшилердиң мүтәжликлери жергиликли жәмәәтлердиң мүтәжликлерин қандырып турды. Семинариялар менен Мухаддес Китап мектеплери де болған емес. Ал ҳақыйқат Масихтың тәлийматын қабыл еткен садық адамларға жеткерилип отырылды. Сол адамлар да өз гезегинде басқаларға тәлим берип барды (Тимоф. 2-х. 2:2 ге қараң). Мен бул арқалы жәмәәт қаншелли киши болыўына қарамай, елшилерди таңлаў бойынша, жәмәәт басшысының абырайын пәс қойғым келмейди. Қудай жәмәәтти бизлерди руўхый жақтан жақлаў ушын орнатты. Ҳәр қандай жергиликли жәмәәт тура алыўы ҳәм Хош Хабар жәриялаў, шәкиртлерди таярлаў, хызмет етиў, қарым-қатнас жасаў ҳәм сыйыныў бойынша өз ўазыйпаларын дәстүрий түрде атқарыўдан тысқары әмелге асыра алатуғынын түсинип жетиў жүдә әҳмийетли. Бул Қудай жыйнаған исениўшилердиң ҳәр қандай топары ең қыйын аўҳалларда тура алады дегенди аңлатады. Бирақ форма ҳәм усылларды жәмәәттиң ўазыйпалары менен алжастырса, онда усы формалар менен усыллар оның жедел турмысы ушын тосқынлық болыўы мүмкин. Ҳәзирги ўақытта жер бетинде батыс жәмәәтиниң исине тән болған форма ҳәм усыллар қадаған етилген көп орынлар бар. Айырымлардың пикиринше, буның нәтийжесинде, жәмәәт аман қалмайды деп ойлайды. Бул ондай емес! Рим империясынан бери, көп ҳүкимдарлар жәмәәттиң форма ҳәм усылларын табыслы түрде жоқ қылып келди. Бирақ ҳеш бир адам Масихтың жәмәәтиниң өзин жоқ қыла алмады. Егер сиз Мухаддес Китаптың тийкарғы ойына деген садықлықты сақлай алсаңыз ҳәм оның ўазыйпаларын орынласаңыз, онда сиз ҳәм сизиң туўысқанларыңыз ҳәр қандай қыйыншылықты жеңетуғын жәмәәт бола аласыз. ЖЕҢИМПАЗ ЖӘМӘӘТ Бул қолланбаны таярлаў ўақтында, Азиядан болған жәмәәт жетекшилери маған келеси он пунктти усыныс етти. Олар сол жетекшилердиң пикири бойынша жеңимпаз жәмәәтти көрсетеди екен: 1. Жәмәәт ҳәр күни Мухаддес Руўхтың күшин билип барады Оның ағзалары Қудайдың жолы менен жүреди, Оның менен қарым-қатнаста болып жасайды ҳәм өмирлеринде Мухаддес Руўхтың жемислерин көрсетеди. 2. Жәмәәт Масихтың денеси менен қарым-қатнаста болып жасайды Исениўшилердиң қарым-қатнасы емес, ал олардың Масихтағы туўысқанларға деген толық садықлығы да зәрүр. 3. Жәмәәт Мухаддес Китапты биледи ҳәм оны қоллана алады Мухаддес Китапты билиў исениўшилерге жалған тәлийматларға қарсы тура алыўға жәрдем береди. 4. Жәмәәт Хош Хабарға салдамлы түрде қатнас жасайды Исениўшилер Хош Хабарды жәриялаўдың мақсетин биледи. Олар Ийса Масихтан басқа, ҳеш қандай қутқарылыў жолы жоқ екенине исенеди. 5. Жәмәәт жәмийет мүтәжликлерине хызмет етиў исине садық Жәмәәт өз ўазыйпаларын ҳәм басқа адамларға жәрдем бериў мүмкиншилигин билиўи ҳәм әтирапындағы адамгершиликке қайшы келетуғын нәрселерге қарсы тура алыўы тийис. 6. Жәмәәт сыртқы (жәмәәтке деген) қадағалаў ҳәм өз үстинен бийлик жүргизиўден ғәрезсиз ҳәм азат болыў тийис 7. Жәмәәт өзине қарсы күшлердиң күшли ҳәм ҳәлсиз тәреплерин биледи 8. Қуўдалаўлар жағдайында да гүўалық бериўши батыл жәмәәт 9. Әпиўайы ағзалары ҳәм руўханийлери хызметтиң аўырманлығын өз ара тең бөлисетуғын жәмәәт 10. Дуўа етиўши жәмәәт! Топардағы сабақлар Роллерге бөлинип, шынығыў өткизиў: Қарама-қарсы күшлер рәсмий түрде тән алынған жәмәәтке басым көрсететуғыны ҳаққында көп мысаллар бар. Келеси анық болған жағдайларды қарап шығып, ҳәр бир жеке жағдайда сиз не қылған болар едиңиз, соны шешиң. Сиз қалай ойлайсыз, өзи кишкене ҳәм ҳүкимет тәрепинен тән алынбаған жәмәәт бул машқалаларды жақсырақ шеше алған болар ма еди? • Еки айдан кейин, Қубла Вьетнам коммунистлер тәрепинен басып алынғанда, бир масихый адам өз достысына былай деп жазған еди: «Бизиң Қудайға хызмет етиў жыйналысларымызда жаңа адамлар пайда болды. Олар бизлерден көп нәрселерди талқылаўды талап етпекте. Негизинде, бизлер тек сыйынып қоймастан, сиясий жыйналысларда болғанындай, пикир де жүргиземиз. Әдетте бизлер жаңа адамлар келсе қуўанамыз. Бирақ бул жағдайда, жәмәәтимизге жат нәрселер басып кирген болып табылады». Сиз бул жәмәәттеги адамлардың орнында болғаныңызда не қылған болар едиңиз? • Қытайдағы ҳүкимет дәслеп жәмәәтке халық алдында Қудайға хызмет етиў жыйналысларын өткизиўге рухсат етти. Ал кейин ол жәмәәт имаратларын тартып ала баслады. Сол имаратларды емлеўханалар, поликлиникалар, балалар үйлери ҳәм мектеплер орнында пайдаланды. Сизлер қалай ойлайсызлар, усы мекемелерде ислеўши масихыйлар бул жағдайға қандай қатнаста болыўы керек еди? • Қубада Фидель Кастроның ҳүкимети бир неше жәмәәтке рухсат берген. Бирақ олардағы адамлардың саны жүдә көп болып, имаратларға сыймай кетти. Масихыйларға еле де үлкенирек имаратларды қурыўға ямаса жәмәәт имаратының сыртында, ҳәтте, өз үйлеринде жыйналыс өткизиў рухсат етилмеген. Егер жәмәәтке келиўши барлық адамлар пүткил жыйналыс даўамында тик аяқта турыўға қайыл болған болса да (орынды үнемлеў ушын), олардың көбиси имаратқа кире алмай, үйлерине қайтыўға мәжбүр болды. Бундай жағдайда не ислеў керек? • Гейбир мусылман еллеринде масихый эмигрантларға шыдамлылық пенен қатнас жасайды. Бирақ жергиликли исениўшилер өз исеними ҳаққында ашық айта алмайды. Усындай «жасырын» исениўшилерди ҳақыйқый масихыйлар деп атаўға бола ма? Олар жәмәәтке тән болған қәсийетлерди орынлай ала ма? Олар ким менен ҳәм қалай сыйыныў кереклигин қалай шешиўи керек? • Масихыйлыққа душпан болған ҳүкимет исениўшилердиң тәсирин азайтыў ушын, оларды тарқатып жибериўге жийи-жийи ҳәрекет етеди. Кампучия сыяқлы еллерде, пүткил халық жаңа орынларға мәжбүрий түрде көширилип жиберилген еди. Ал Вьетнамда басқа усыл қолланылып, бир хожалыққа қойылатуғын салық төлей алғанынша көбейтилип, кейин хожалық басқа жерге көширилип жиберилген. Бурынғы Советлер Аўқамында усы тәризде көп масихыйлар сүргин қылынған еди. Ҳәзир Сибирь Хош Хабар жеделлик пенен жәрияланған, масихыйласқан аймақларының бирине айланды. Егер сизиң хожалығыңызды экономикалық жағдайларға байланыслы басқа жерге, сиз бирде бир исениўшини танымайтуғын жаққа көшип кетиўге мәжбүрлесе, не қылған болар едиңиз? Талқылаў ушын сораўлар: 1. Масихыйлар бир-бириниң алдында қандай ўазыйпаларға ийе болыўы керек? 2. Бир жәмәәт басшысы Хош Хабарды тарқатыўды былайынша анықлап берди: «Тыңлаўшы Масихты я қабыл ететуғын, я қабыл етпейтуғындай қылып, Хош Хабарды анық ҳәм келисимсиз жәриялаў тийис». Сиз усы анықламаға қосыласыз ба? Сизиң хожалығыңыз Хош Хабарды еситкен бе? 3. Масихый туўысқанларды әтираптағы дүньяға гүўалық айтыў ушын қалай жақсылап ийтермелеў керек? 4. Хош Хабар айтыў қадаған етилген жәмийетте қалай ўаз айтыў керек? Егер сизде руўхый әдебият жоқ болса, бул исти қалай ислеў керек? 5. Басқа масихыйлардан қаржылай жәрдем алыўдың артықмашылығы ҳәм кемшиликлерин талқылаң. 6. Сизиң топарыңызға қандай басқарыўшылық керек ҳәм басшылық хызметти орынлаў ушын адам қандай қәсийетлерге ийе болыўы тийис? 7. Масихыйлар дуўшар болатуғын, жоқарыда келтирилген жағдайларды роллерге бөлинип ойнаң. 8. Азиялы жәмәәт басшылары усыныс еткен жеңимпаз жәмәәттиң он қәсийетин талқылаң. Сиз олардың сөзине қосыласыз ба? Сиз усы дизимге бир нәрсе қосқыңыз келе ме? Бесинши бап Қудай масқараланбайды Ҳәмме нәрсени Оған бойсындырып, бағындырды. Оны пүткил барлықтың үстинен қойып, исениўшилер жәмәәтиниң басы қылды. Исениўшилер жәмәәти Масихтың денеси болып, пүткил барлықты толтырып турған Масихтың толылығына ийе. Ефес. 1:22–23 Мүйешке қарай бурылыўдан алдын, Рене дыққат пенен әтирапына қарап шықты. Ол ҳеш қандай аңлыўды байқамады. Жигит маңлайындағы терин сүртип, саатына қарады. Белгиленген ўақытқа бес минут қалған еди. Ол үлкен дәрўазаға анық 7:14 те жетип келиў ушын, әсте квартал әтирапын және айланып шықты. Рене қоңыраўды үш рет басты: қысқа, узақ, қысқа қоңыраў. Бул қоңыраўды басып турған исенимдеги туўысқан екенин билдиретуғын жаңа ғана өзгертилген код еди. Дәрўаза ашылып, Рене ишке кириўден-ақ, ол тез жаўылып қалды. Арадан еки саат өткенде, қарым-қатнас жасаў ушын, үйдиң жер төлесинде бир неше жүзлеген исениўшилер жыйналды. Рене басқаларды күтип, жай-парахат отырды. Ол журналда Қытайдағы кишкене исениўшилер топары ҳаққында оқығанын еследи. Сол топар Қудайға сыйыныў ушын, ҳәр ҳәпте кишкене дүкәнниң артқы бөлмесинде жыйналып туратуғын еди. Ол бахытсыз мәдениий раўажланыўдың ўақты еди. Дүкәнға келген адамлар исениўшилерди еситип қойыўы мүмкин болғанлықтан, исениўшилер алғыс қосықларды «үнсиз» айтатуғын еди. Биреў қосықтың атын сыбырлап айтқанда, ҳәмме үнсиз еринлерин қыймылдатып, ойларында қосықтың сөзлери менен намасын ыңылдаған. Ол шопан Валлидиң: «Бизиң жәмәәтимиз бамбук перде артындағы исениўшилер сыяқлы жасырын. Бирақ бир айырмашылығы — бизлер Қудайды бақырып алғыслай аламыз. Себеби бизде сести сыртқа шығармайтуғын әжайып үскене бар. Бизлерди жақын қоңсымыз да еситпейди», — дегенин еслеп, қатты бақырып күлип жиберди. Бул гүрриң Сауд Арабистанында, бир мың төрт жүз жыл даўамында рәсмий масихый жәмәәт болмаған елде болған жәмәәт топары ҳаққында. Солай болса да, пүткил ел бойлап, көп исениўшилер өмирин үлкен қәўип астына қойып, ушырасып турған. Батыста жийи-жийи исеним рәсмий қабыл етилген жәмәәт арқалы көрсетиледи. Сонлықтан исениўшилер исенимниң тек усылай көриниўи менен ғана таныс. Деген менен, бул түри ҳүкимет басына айбатлы ҳүкимет келгенде биринши гезекте ҳүжимге ушырайды. Бундай жәмәәтке қаслық жағдайда тири қалыў қыйын болады. Келиң, бизлерге масихыйлар сыпатында басым көрсетиўге ҳәрекет ететуғын ҳүкимет бийлиги астында қалғанымызда өз шөлкемимиздиң гейбир түрлерин қарап шығайық. ЖЕРГИЛИКЛИ ЖӘМӘӘТ ПЕНЕН ҲҮКИМЕТТИҢ ӨЗ АРА ҚАРЫМ-ҚАТНАСЛАРЫНЫҢ ТҮРЛЕРИ Ҳүкиметтиң басымына бойсыныўға, жәмәәттиң жоқ болып кетиўине жол қойыўға ҳәм өз исенимимизди сөндириўге болады. Әлбетте, ҳеш бир ҳақыйқый масихый буны таңлағысы келмейди. Бирақ көп масихыйлар жағдайларға бойсынып, анық усындай жол менен кеткен, аўыр мәҳәллер пайда болғанда, оларға таяр болмай шыққан. Егер биз Масихтағы жағдайымызды есапқа алмай, пикир жүргизетуғын болсақ ҳәм алдын ала Оның алып жүриўине толық бойсыныўды шешип алмасақ, онда биз нийетимиздиң қаншелли жақсы болыўына қарамастан, қайғылы нәтийжеге ерисемиз. 1. Тәртип пенен бирге жасайтуғын жәмәәт Ҳүкиметтиң барлық талапларына бойсынған ҳалда, бизлер жәмәәтимиз бенен бирге үйреншикли өмир сүриўимиз мүмкин. Өткен сабақта биз қаслық қатнаста болған ҳүкимет бәрқулла жәмәәтке деген шеклеўлерди аяўсыз түрде алып баратуғыны ҳаққында айтқан едик. Солай болса да, әдетте күшсиз ҳәм ҳәлсиз жәмәәтлерге даўам етип хызмет алып барыўға рухсат етиледи. Тәртип пенен бирге жасаў сиясатын таңлаған жәмәәтлер ҳүкиметтиң үгит-нәсият қуралына айланыўы мүмкин. Бирақ рәсмий жәмәәт басшыларының жийи-жийи басқа жолы жоқ. Олар ҳүкимет пенен бирге ислесиўге мәжбүр. Олай болмаса, қамаққа тасланады. Тек мәмлекет жәмәәттиң болыў я болмаўын шешеди. Олар қандай да бир жәмәәтке еле де шыдап киятырған болса, онда сол жәмәәттиң жазалаўшы ҳүкиметтиң қандай да мақсетлерин орынлайтуғынына исенимли болсақ болады. Ҳүкимет өз жансызларын бундай жәмәәтлерге жиберип, оның хызметин өзлериниң мәпи ушын пайдаланады. Жәмәәт әтирапындағы дүньяға гүўалық бериўде Мухаддес Китап тәлийматына садық қалып, ҳүкиметке жағыныў керек болған жағдайға түседи. Әдетте бирге тыныш жасаў сиясатын таңлағанлар ҳүкимет ҳәм басқа масихый топарлардың гүманына қалады. Бул ҳақыйқый масихыйлар ушын қыйын жағдай. Бирақ жәмәәт усы тәризде халық алдында Қудайға хызмет етиўге ҳәм гүўалық бериўге мүмкиншилик алады. Ал бизлер бундай жәмәәтти дуўа етиўимиз арқалы қоллап-қуўатлап, Ийемизден оның гүўалығын таза сақлаўын ҳәм оның басқа масихыйлар ушын тосқынлық болмаўын сораўымыз тийис. 2. Қарсылық көрсетиўши жәмәәт Қаслық орталық жағдайында жәмәәт таңлай алатуғын басқа түри қарсылық көрсетиў сиясатына туўры келеди. Бундай жәмәәт ҳүкимет басында турған тәртипке ашық қарсылық көрсетиўге ҳәрекет етеди. Егер ҳүкимет ҳәр бир жыйналыстың өткерилиўи ушын алдын ала рухсат алыўды талап етсе, онда масихыйлар бул қадаған етиўшиликти бузып, «нызамсыз» жыйналысларды өткизеди. Егер мәмлекет жәмәәт имаратларын тартып алса, онда исениўшилер өз жыйналысларын ашық ҳаўада өткизеди. XX әсир жәмәәтиниң көп азап шегиўшилери усындай топарлардан шыққан. Олар ҳүкиметке қарсылық көрсетиўге шешим қабыллаған ҳәм бул ушын толық төлем төлеўге таяр еди. Биз қолайсыз аўҳалға төтепки бериў ушын батырлыққа ийе болған масихыйлар менен мақтана аламыз. Деген менен, бундай қарсылық көрсетиўге белгиленген талапларды орынлаў арқалы ерисиў тийис. • Егер ҳүкиметлик шеклеўлер жеңил түрде ҳәм даўам етип ҳәрекет ететуғын болмаса, онда бул жәмәәттиң жақсы тәрепке өзгериўине алып келиўи мүмкин. Деген менен, коммунистлик еллерде бундай сиясат ҳаққында сөз болыўы да мүмкин емес. Қарсылық көрсетиў ҳүкиметтиң сиясатына қандай да бир дәрежеде тәсир жасаўы мүмкин. Бирақ жазалаўшы ҳүкимет масихыйларға узақ ўақыт даўамында шыдай бермейди (Эфиопияда болғаны сыяқлы). • Егер халықтың көпшилик бөлеги масихый болса ҳәм жәмәәттиң қарсылық көрсетиўин халық жақласа, онда ҳүкимет жеңиллик бериўге мәжбүр болады (Мысал ретинде, Польшаны келтирип өтиўге болады). • Егер масихыйлық елде көп ўақыт даўамында, яғный онлаған ҳәм жүзлеген жыллар даўамында болған болса, оның принциплери исениўшилерге белгили болып, жәмәәтке келиўши әпиўайы адамлар ҳүкимет жәмәәт басқарыўшылығынан алып таслаған басшылардың орнына тура алатуғын болса, онда қарсылық көрсетиў жүдә узақ ўақыт даўамында болыўы мүмкин (мысалы: бурынғы Советлер Аўқамында болғанындай). Көплеген Азия ҳәм Жақын Шығыс еллеринде биз жаңа ғана келтирген үш жағдай жоқ болып, олар жәмәәтке қарсылық көрсетиўдиң усы түрин қолланыўға мүмкиншилик береди. Айырым еллерде қарсылық көрсетиўши жәмәәт ҳүкимет басына масихыйларға қарсы күшлер келгеннен соң, аз ўақыт ғана шыдай алады. Бирақ бундай жағдайда, жәмәәт дүньяға әжайып гүўалық усына алды. Мьянмеде (бурын Бирма сыпатында белгили болған) масихый ҳәрекет жүдә аз санлы болса да, ҳәзирге дейин өз исин даўам етип келмекте. Ҳүкимет өз мәмлекетин социалистлик деп атайды. Мьянмеде масихыйларға күшли басым жасалып, гейбир жәмәәт басшыларын қамаққа салды. Себеби масихыйлар ҳүкиметке душпан болған күшлер менен беккемленип атырған қусайды. 1990-жыллар ақырында, Колумбиядағы Хош Хабаршы исениўшилер отыз алты шопанның өлтирилиўин ҳәм гүрес айрықша аяўсыз болған аймақларда үш жүзден аслам жәмәәтлердиң мәжбүрий түрде жабылыўын әшкаралады. Және елиў бес шопан өз жәмәәтлери менен үйлерин таслап кетиўге мәжбүр болды. Мыңлаған масихыйлар баспанасыз қалды. 3. Жасырын жәмәәт Гейде масихыйлар олардың дәстүрий, яғный рәсмий жәмәәтте исенимин көрсетиўи мүмкин емес екенин түсингенде, жасырын исениўди шешеди. Бул онша дурыс болмаған шешим болып көриниўи мүмкин. Деген менен, бундай жәмәәтлер аяўсыз қуўдалаўлар жағдайында узақ жыллар даўамында аман сақланып қалады. Ҳүкимет кишкене адамлар топарына сийрек дыққат аўдарады. Жийи-жийи үй жәмәәтлери деп аталған үй топарлары ямаса хожалық жәмәәтлери узақ ўақыт жасырын қалыўы, ҳәтте, оларды билип қойған жағдайда топарларға бөлинип кетиўи мүмкин. Усы кишкене топарлар жәмәәт ўазыйпасын атқарыў ушын қысқа ўақытқа жыйнала алады. Қытай масихыйлары масихый өмирдиң бундай көп әжайып мысаллары ҳаққында айтып бере алады. Қыйын жылларда олар атызда әпиўайы бас ийзеў арқалы ямаса тыныш жыйналыста көрискенде, бирге үнсиз масихый қосықларды «айтқанда», бир-бирин қоллап-қуўатлаўды үйренди. Гейде олар бир-бириниң исениўши екенин өз ара бир-бирине деген сүйиспеншилик ҳәм ғамхорлық арқалы билген. Олар өз өмирлериниң дослары ҳәм жақынлары излейтуғын сондай тынышлыққа ийе болыўы ушын дуўа етеди. Сонда олар набыт болып атырған дүнья менен Масих ҳаққында хабарды бөлисиў ушын мүмкиншиликке ийе болады. Әлбетте, жасырын масихыйлар өзлерин билип қойған жағдайда, қуўдалаўларға таяр турыўы тийис. Бирақ олардың исенимдеги қымбатлы өмири ондай жағдайда оларға таярлық береди. Егер жасырын жәмәәт рәсмий жәмәәтлерде қабыл етилген жыйналыс өткизиў усылларынан бас тартса, онда ҳүкимет бундай жәмәәтти жоқ қыла алмайды. Мысалы: Шанхайда үй жәмәәтлери бүгинги күнде жигирма мың топарға ийе. Топарлар кишкене болыўы керек ҳәм Мухаддес Руўх исениўшилерди жәмәәтке қосып барған сайын, топарлар екиге бөлиниўи тийис. Ең жақсысы, топарлардағы адамлар жақын жайласқан жерлерден болғаны жақсы. Егер бундай топарды билип қойған жағдайда, оның нызамсыз жыйналыслары қадаған етиледи. Бирақ исениўшилер тек тарқалып кетип, басқа жерде жыйналыса баслайды. Жасырын жәмәәттиң хызмети ушын әтираптағы дүньяда аз ғана адамлар Масих ҳаққында еситиўи мүмкин екенлигин мойынлаў күшли шеклеў болып табылады. Жасырын жәмәәт Ийемиз ҳаққында тек ярым ҳалда ғана гүўалық бере алыўы мүмкин болса да, соның менен бирдей ўақытта масихыйлар Хош Хабар жәриялаў ушын барлық мүмкиншиликлерден пайдаланады. Олар арасында жазалаўшы тәртипке ийе болған еллердеги халықларға шегаралар арқалы Хош Хабар жеткизиўши Халықаралық масихый радио бар. Жасырын жәмәәт Мухаддес Китаптың қағыйдаларына сай жасаўды даўам етеди. Бирақ ол буны жасырын ислейди. Бундай жолды таңлаўды қорқақлық деп атаўға бола ма? Мүмкин, масихыйлар «беккем турыўы» ҳәм барлық қуўдалаўларға шыдам бере алыўы керек шығар? Мүмкин. Бирақ биз Мухаддес Руўхтың бир елдиң ишинде ҳәр түрли адамларды ҳәр қыйлы жоллар менен алып жүретуғынын түсиниўимиз керек. 4. Жәмәәттиң жалған еркинлиги ҳәм оларға қарата айтылған қорқытыўлар Қандай да бир жәмәәт азлы-кемли еркинлик жағдайында жасайды. Деген менен, оны қорқытпақта. Бундай жағдайда, биз жоқарыда сөз еткен үш жағдайдың ҳәр түрли қосымтасын көремиз. Бирге жасаў артқа шегиниў яки келисиў дегенди аңлатпайтуғын жағдайлар да болады. Басқа жағдайда жәмәәт ҳүкиметтиң өзине көрсеткен басымына қарсылық көрсетиўи мүмкин. Сөзсиз жүз бериўи мүмкин болған қуўдалаўларға таяр болыў яки қуўдалаўлар пайда етиўи мүмкин болған ўазыйпаларды иске асырыў ушын, жәмәәттиң бир бөлегиниң жасырын жағдайда қалыўына мәжбүр қылатуғын аўҳаллар да болады. Айырым мусылман еллеринде болған масихый жәмәәтлердиң жағдайы усындай. Сол еллердеги исениўшилер рәсмий түрде еркинликке ийе болса да, ис жүзинде жәмәәтке ҳәр тәреплеме басым көрсетиледи. Жәмәәт өзине қойылған шеклеўлерге деген қарсылығын бәлент даўыс пенен билдириўи мүмкин. Соның менен бирдей ўақытта, оларды қәўип астына қоймай (мысалы: мусылман орталығы тәрепинен), жәмәәттиң жасырын хызметин тыныш таярлық ҳәм жаңа шәкиртлерди тәрбиялаў ушын бағдарлаўға болады. Ал Непалда аўҳал басқаша. Бул елде мәмлекетлик дин индуизм болып табылады.Теориялық жақтан масихыйлыққа жол қойылған болса да, исениўшилерге индусларды масихый динине өткизиў қадаған етилген. Бурынғы ўақытлары исенимге жақында келген масихыйлар ҳәм олардың басшыларының басқаларды масихыйлыққа өткизгенин ҳүкимет дәлиллей алса, алты жыл қамақта өткизген. Непал масихыйлары көп жыллар даўамында усындай жазаларға қарсы шығып, бул нызамларды шетлеп өтиўге тырысқан еди. Солай болса да, 1990-жыллары масихый жәмәәт жетпис мыңнан баслап, төрт жүз мың адамға дейин өсип кетти. Непал пайтахтында жасаўшы бир непал шопанының пикиринше, бул таң қаларлық өсим қуўдалаўлардың жаңа ағымын дерлик алты есе пайда етеди. Оның айтыўынша: «Енди қуўдалаўлар үш тәрептен жақынласып келмекте: индуист тиреклери, маост раўажландырыўшылары ҳәм бюрократлары тәрепинен». Бундай жәмәәт жасаў жағдайларының уқсаслығына қарай, гейде «балкан түриндеги жәмәәтлер» ямаса «колумбиялы» деп аталатуғын жәмәәтлер түрине жатады. Балкан ҳәм Колумбиядағы жәмәәт басшылары ҳәм жәмәәт ағзалары ҳүкимет әскерлери, қозғалаңшылар, азатлық армиясы ҳәм наркоискерлер арасындағы урыста соққы астында қалады. Буннан тысқары, олардың ҳәр бири дин тараўында қадағалаў жүргизиўге тырысады. Егер жәмәәт тек жалғыз Қудайға деген садықлықты сақлап, ҳәр қандай тәрепке қосылыўдан бас тартса, онда ол ҳәммесиниң душпанына айланады. 1999-жылы Чечняға Россия федераллық әскерлери кирместен алдын, ол тезлик пенен тәртипсиз мәмлекетке айланып барды. Еки тәрептиң де коммерциялық талабы адамларды урлап кетип, олар ушын қун талап етиў болды. Жәмәәттиң «терең қалталары» себепли, масихыйлар стратегиялық нышанаға айланды. Адам урлаўшылар ең кем дегенде Грозный қаласындағы еки шопанның басын алды. Мүмкин, бул ўақыя қарақшылардың Батыстан келетуғын гуманитар жәрдем менен тәмийинлеўинде олар қатнасыўға бас тартқаны себепли болған шығар. «Балкан» ямаса «колумбия» бағдары гүлленген еллердеги жәмәәт азап шегеди. Ол жерлерде бәсекелескен топарлар жәмәәт үстинен қадағалаў жүргизиўге ҳуқыққа ийе болыў ушын гүреседи. Ол жердеги ҳүкимет күшке де, бийликке де ийе болмағанлықтан, зорлықты тоқтата алмайды. ЖӘМӘӘТТИҢ ЕПШИЛ СИЯСАТЫ Лука жазған Хош Хабардың 9-бабында шәкиртлери Ийсаға Оның атына хызмет ететуғын, бирақ олар менен бирге жүрмейтуғын адамлар ушырасатуғынын айтып, шағым жасаған еди. Шәкиртлер бундай адамларға тыйым салған еди. Бирақ Ийса оларға: «Тыйым салмаңлар. Себеби ким де ким сизлерге қарсы болмаса, ол сизлердиң тәрепдарыңыз», — деген еди (Лука 9:50). Петрге бул сабақты өзлестириў қыйын болды. Ийемизге оған анық аян ҳәм тәсир жасаўшы сезимлерди бериўге туўра келди. Сонда Петр: «Қудайдың адамларды айырмайтуғынын, бирақ Өзинен қорққан ҳәм ҳақ ис ислеўши адамды миллетине қарамай қабыл ететуғынын ҳақыйқаттан түсинип турман», — деген еди (Ел. исл. 10:34–35). Елши Павел бул пикирди Римлилерге жазған хаттың 14-бабында даўам еттиреди. Ол усы тақырып бойынша өз тәлийматынан нәтийже шығарып, былай деген еди: «Басқаның хызметшисин ҳүким ететуғындай, сен кимсең? Сен неге туўысқаныңды ҳүким етесең? Ҳәммемиз де Қудайдың ҳүким гүрсиси алдында жуўап беремиз-ғо» (Рим. 14:4, 10). Ҳәтте, Павел Хош Хабарды жаман нийет пенен болса да жәриялаўды даўам етип атырған адамларды ақлаған еди (Филип. 1:12–18 ге қараң). Мухаддес Жазыў Масихтың денесинде ҳәр түрли пикирлер себепли бөлиниў болмаўы кереклиги, ҳәтте, олар ҳәр түрли жоллар менен кетип баратырған болса да, олардың болмаўы тийис екенлигин анық үйретеди (Коринф. 1-х. 1:11–17 ге қараң). Басқа адамларды өзлеримиз Ийемизге хызмет еткендей хызмет етпегени себепли қабыл етпеўден жүдә сақ болыўымыз тийис. Егер биз Ийемиз исенип тапсырған исти тыныш орынласақ, онда өз хызметинде Қудайдың басқарғанын сезетуғын басқа исениўшилер сыяқлы, тынышсызланыўдың кереги жоқ. Енди Мухаддес Китапта адамлардың қуўдалаўларға деген ҳәр түрли қатнасларын қарап шығайық. • Самуел. Қудай Ийе оған болажақ патшаны майлаўды буйырғанда, Самуел қорқып кетти. Сонда Қудай Ийе оған жалған арқалы гүна қылмаў ушын, бул исти қалай жасырын орынлаў кереклигин көрсеткен еди (Пат. туўр. 1-к. 16:1–5 ке қараң). • Илияс. Күнлердиң биринде, ол патшаға батырларша қарсы шықты (Пат. туўр. 3-к. 17:1 ге қараң). Басқа бир сапар Қудай Ийе оны қашып кетиўге ҳәм душпанларынан жасырыныўға алып келди (Пат. туўр. 3-к. 17:3 ке қараң). • Эстер. Ол өзиниң еврей екенин патшадан жасырып, оның ҳаялы болған еди. Ол өз өмирин қәўип астына қойып, керекли ўақтында өз халқына жүдә әҳмийетли хызметти атқарды (Эстер 7:1–4 ке қараң). • Даниел. Өзиниң үш достысы менен биргеликте өлимнен қорқпастан, ол патшаға қарсы шықты. Бирақ Қудай оны қорғады (Даниел 3-ши ҳәм 6-бапқа қараң). • Ийса. Ол яҳудий ҳәкимлерден қашып жүрди ҳәм бир күни, ҳәтте, олардан жасырынып қалды (Юхан 8:59; 11:54 ке қараң). • Петр ҳәм Юхан. Ҳүкимет ўәкиллери оларға Хош Хабар жәриялаўды қадаған еткен еди. Деген менен, олар бойсыныўдан бас тартты (Ел. исл. 4:18–20 ға қараң). • Павел. Ол қәўипке байланыслы айрықша епшил усылды таңлады. Гейде ол өзин қуўдалағанлардан қашып жүрди (Ел. исл. 9:23–30 ға қараң), гейде қамақта отырды (Ел. исл. 16:22–24 ке қараң), гейде Қудайды кәрамат көрсетиў ушын шақырды (Ел. исл. 13:10–11 ге қараң). Бирақ қандай жағдай болса да, ол не ислеў кереклиги бойынша, Мухаддес Руўхқа өзине тәлим бериўге жол қойды. Ол өз ис-ҳәрекетлеринде келеси қағыйдаға сүйенди: «Ҳеш болмаса айырым адамларды болса да қутқарыў ушын, мен ҳәммеге ҳәмме нәрсе болдым» (Коринф. 1-х. 9:22). Елшилердиң ислери китабында өз исенимин ҳәр қыйлы жоллар менен көрсететуғын жәмәәтлерди көремиз. Деген менен, ҳәтте, жәмәәт ямаса айырым исениўшилер Ийемиздиң басқарыўында жүрсе де, олардың қулақ асыўы қуўдалаўлар менен қуўғынлардан қутқара алмайтуғынын түсиниў әҳмийетли. Еврейлерге жазылған хаттың 11-бабында гейбир мухаддес адамлардың қуўдалаўлардан қутқарылғанын, ал басқалардың өмиринде Қудай азап шегиўге жол қойғанын көремиз. Қудайдың таңлаўын түсиниўде Мухаддес Руўхтың басқарыўында қулақ асыў ҳәм епшиллик тийкар болып хызмет етеди. Душпанлық жағдайларға деген қатнас бойынша Мухаддес Китаптағы бул мысаллар жәмәәттиң ҳәм айырым исениўшилердиң толық епшиллигин көрсетеди. Мысалы: Ерусалимдеги жәмәәт пенен Антиохиядағы жәмәәтти салыстырың. Ерусалимдеги жәмәәт тийкарынан исенимге келген яҳудийлерден ибарат еди. Олар өз исенимин дәстүрий түрде, иудаизмге тән усыллар менен, яғный Хош Хабарға қайшы келмейтуғын усыллар менен көрсетиўди даўам етти. Ал Антиохиядағы жәмәәт исенимге келген басқа миллет адамларынан ибарат болып, олар яҳудий дәстүрлерин билмейтуғын еди. Олардың қарым-қатнас усылларында үрп-әдетлер аз болды. Усыған байланыслы, Ерусалимде жәмәәт жетекшилери жыйналып, Антиохиядағы исениўшилерден яҳудий үрп-әдетлерин орынлаўды талап етиў керек я керек емеслигин анықлаў бойынша сөйлести. Узақ даўам еткен сөйлесиўлерден соң, басқа миллет адамларынан болған исениўшилер Қудайдың рухсат еткенине қарап, Ийемизге деген исенимин яҳудийлердиң диний сезимлерин масқараламаған ҳалда еркин билдире алады деген шешим қабыл етилди. Бирақ Ерусалим жәмәәти өз исенимин яҳудий үрп-әдетлерин орынлаған ҳалда даўам етип көрсете алатуғын еди (Ел. исл. 15:1–35; 21:17–26 ға қараң). Есте сақлаңлар: Жаңа Келисим заманындағы жәмәәт бәрқулла қаслық аўҳалда болды. Рим империясы масихыйларды пүткил батыс дүньясы бойлап қуўдалап отырды. Бирақ масихыйлық өз қуўдалаўшылары үстинен салтанатлы жеңиске еристи! МАСИХТЫҢ ДЕНЕСИ ИШИНДЕГИ БИРЛИК Егер мәмлекет пенен бирликке ийе ҳалда жасап атырған жәмәәтлерге ҳәм қарсылық көрсетиўши жәмәәтлерге келиўши адамлар ҳәмме ўақытта аңлыў астында болса, онда жасырын жәмәәттиң әпиўайы исениўшилери әтирапындағыларға гүўалық бериў бойынша көбирек еркинликке ийе. Усындай сақлық пенен берилетуғын гүўалықлар себепли, жаңа топарлар пайда болады. Деген менен, мәмлекет тәрепинен көрсетилген басымларға берилген бул үш түрли жуўаплар масихый исенимниң ҳақыйқаттан көрсетилиўи екенин умытпаў керек. Ҳеш қандай жағдайда да, исенимин басқаша көрсеткени себепли, бир топар екиншисинен жүз бурмаўы тийис. Гейде Қудай исениўшилерди өз минез-қулқын өзгертиўине алып келеди. Қарсылық көрсетиўши жәмәәтке сондай күшли қуўдалаўлар келип, оның әпиўайы ағзалары жасырын жыйналысқа айланыўы мүмкин. Жасырын жәмәәт ҳүкиметке ашылып, қарсылық көрсетиўши жәмәәтке айланыўы мүмкин. Ҳүкимет пенен жақсы қарым-қатнас жасаў жолын таңлаған айырым жәмәәтлер өз ағзаларынан үй топарларын ҳәм үй жәмәәтлерин шөлкемлестиреди. Мүмкин, ҳүкимети масихыйларға душпан болған еллерде бизлерге намәлим болған исеним түрлери болса керек. Мухаддес Руўхтың исин шеклеў мүмкин емес. Ол бизлерди ҳәм бизиң исениўшилер топарымызды ҳүкимет пенен өз ара қарым-қатнас жасаў бойынша қандай да бир түри яки тәсилге әкелиўи мүмкин. Егер Мухаддес Руўх биреўлерди басқарып турған ҳүкимет пенен бирге жасаўға, басқаларды қарсылық көрсетиўге, үшиншилерди жасырыныўға алып келетуғынын итибарға алсақ, онда бизге барлық масихыйларды сүйиўге ҳәм ҳүрмет етиўге анағурлым аңсат болады. Тилекке қарсы, бир масихый топардың екиншисине қарсы ҳүжими әжайып үгит-нәсият материалы болып, оны масихыйлыққа қарсы қолланады. Бизлер Юхан жазған Хош Хабарда сөз етилген, Ийсаның жүрек төринен шығарып, Әкесине айтқан мына өтинишин бәрқулла есте сақлаўымыз тийис: Мен тек олар ушын емес, ал олардың сөзлери арқалы Маған исенетуғынлар ушын да сорайман: олардың ҳәммеси бир болсын. Әке, Мени Сениң жибергениңе дүнья исениўи ушын, Сениң Менде ҳәм Мениң Сенде болғаным сыяқлы, олар да Бизде болсын. Әлбетте, Масихты бийкарлаўшы ҳәм Хош Хабарды бурмалаўшы адамлар менен ҳеш қандай қарым-қатнасымыз болмаўы керек. Бирақ егер Масихқа исениўши адам қуўдалаўлардың аўырманлығы себепли Ийемизден ўаз кешсе, басқа исениўшилер оны қоллап- қуўатлаўға ҳәрекет етиўи тийис. Сол адамды ҳәммениң алдында масқаралаўға ҳәм оған қарсы наразылық билдириўге болмайды. Егер барлық масихыйлар өз ара сүйиспеншилик ҳәм ҳүрметти сақлап қала алса, онда бир-биреўге жәрдем бериў мүмкиншилиги көбейеди. Бундай исте бизиң жыйналысымыз жалғыз емеслигин билиўимиз үлкен қоллап-қуўатлаў болады. Бир масихый топарға екиншисине қарсы ғыжжақ бериў сыяқлы ҳийлекерликти қолланып, жазалаўшы ҳүкимет жийи-жийи бул арқалы туўысқанлық қарым-қатнасты бузады. Мәдений раўажланыўдан сәл алдын, Қытайда еки масихый адамға бирге жумыс ислеўге рухсат етилмеген. Ал Вьетнамда хызмети нызамлы болған жәмәәтлер бир-биринен соншелли алыста жайласқанлықтан, масихыйларға биргеликте жыйналыў қыйынға соққан. Жәмәәт ишиндеги конференциялар менен семинарлар қадаған етилген. Коммунистлер масихыйларға қаншелли аз қарым-қатнас жасаўға рухсат етилсе, олар басқа исениўшилердиң Ийемизге деген садықлығы бойынша соншелли тезирек екилене баслайтуғынын түсинди. Демек, олардың өзлериниң исеними де ҳәлсизленип бара берген болар еди. Ийсаның тәлийматына сай, масихыйларды олардың бир-бирине деген сүйиспеншилиги арқалы биледи (Юхан 13:35 ке қараң). Егер биз усы қағыйдаға садық болсақ, онда ҳеш ким бир масихыйды екинши масихыйға қарсы қоя алмайды ҳәм бизиң жәмәәтимиз аман сақланып қалады ҳәм беккемленеди. ЖУЎМАҚ Еркинлик шекленген еллерде жәмәәтлерди рәсмий ҳуқықынан айырыў ямаса еркинликтиң улыўма болмаўы олардың азат етилиў жағдайына айланады. Қытайда, Вьетнамда ҳәм Кубада үй жәмәәтлериниң жетекшилериниң айтыўынша, олардың топарларының қуўдаланаўы Елшилердиң ислери китабының қосымша баплары бола алар еди. Ҳәтте, айырым исениўшилер ерте заманлардағы масихыйлар жасаған қәўим сыяқлы болған өз алдына коммуналар болып жыйналады. Узақ Шығыстағы Чугуевкада болған масихый қәўим маркисистлердиң ҳәр қандай жақсы нийети (мысалы: коммуналар дүзиў) тек ҳақыйқый масихый өзлестириўде ғана иске асырылатуғының дәлили болды. Бул қәўимниң адамлары өзлериниң өмир тәризин ҳеш қашан үгит-нәсият қылмаған. Ерте заманларда болған масихый жәмәәттей, олар коммунадағы турмыс пикирин жарнама қылмаған. Қызыққанларды қандай да бир ўақыт даўамында қәўимде жасаўға бәрқулла қуўаныш пенен мирәт еткен. Гейбиреўлер бундай тәжирийбеге қайылшылық берип, қәўимде биротала жасап қалған. Деген менен, мирәт етилгенлердиң көпшилик бөлеги өмирин буншелли дәржеде түп-тамырынан өзгертиў дәрежесинде емес еди. Солай болса да, ҳеш ким исениўшилердиң усы қәўимде жасаўы шәрт екенин талап еткен жоқ. Коммуна ағзалары жийи-жийи былай деген: «Бизлер жасап атырған өмир — масихый адам жасаў керек болған жалғыз өмир тәризи. Бизлер Масихта көрсете алатуғын өмирге қарағанда, Қудай анағурлым әҳмийетлирек». Қәўим басшысы төмендеги сөзлерди айтқан еди: «Егер сиз Хош Хабар айтып, исениўшилерди жыйнасаңыз, онда келеси сөзлерди айта алыўыңыз тийис: „Биз масихыйлардың қалай жасап атырғанымызды келип, көриңлер“. Бул — ең тәсирли жол-жорық. Биз жалғыз баслы масихыйларды беккемлеўди ҳәм олардың өз орталығында жақсы үлги бола алыўы ушын жәрдем бериўди баслы мәселе қылып қоямыз. Дәслеп өзиңиз олардай болып алың, кейин басқаларға солардай болыўға жәрдем бериңлер. Соннан кейин ғана көплеген адамлар Масихқа келиўди қәлеп қалады». Топардағы сабақлар Роллерге бөлинип, шынығыў өткизиў: Сиз аўыллық жердеги кишкене жәмәәттиң шопанысыз. Күнлердиң биринде, сизге жергиликли көтерилисшилер топарының командири келеди. Ол сизди қорқытып, сизден жәмәәттиң ислери менен шуғылланыўды тоқтатыўды талап етеди. Олай болмаса, сизиң үйиңизге (сизиң хожалығыңыз жасайтуғын ҳәм исениўшилер жыйналатуғын жерге) от беретуғынын айтады. Сиз не ислеген болар едиңиз? Сизиң жәмәәтиңиздиң ағзалары не қылған болар еди? Талқылаў ушын сораўлар: 1. Жергиликли жәмәәт усылы усынған төрт вариант ишинде белгили масихый жетекшилер негизинде тек үшеўин таңлай алады. Не ушын? 2. Мухаддес Китаптағы мысалларда келтирилген исениўшилердиң минез-қулқының усылын таңлаўдағы шеклеўлер неден ибарат болды? (Ел. исл. 15:29 ға қараң). Сиз гүўасы болған исениўшилер өзлерине қандай шеклеўлерди қояды? 3. Басқа исениўшилердиң өзлерин бизлерге қарағанда басқаша услап тутыўы ҳәм бизлер де, олар да, яғный еки тәреп те ҳақ болыўы мүмкин екенин түсиниў не ушын әҳмийетли? 4. Қытайдағы бир масихый топар қабыл еткен келеси қағыйданы талқылаң: «Масихтағы барлық масихыйларды сүйиңлер. Бирақ тек өзиңиз сынақларға шыдады деп билген адамларыңызға ғана исениңлер». 5. Егер биз әтирапымыздағы адамлардың көз алдында өз исенимимиздиң сыналыўына шыдай алмаған болсақ, не қылыўымыз керек? Ийсадан танғаннан кейин, Петр не қылған еди? (Матта 26:69–75 ке қараң). Ол Ийсадан танғаннан кейин, ҳақыйқый масихый болып қалды ма? Жеке тапсырмалар: Жәмәәттиң ҳәр бир ағзасынан өз топарын сүўретлеўши схеманы толтырыўды сораңлар. Ҳәр бир топардың күшли ҳәм ҳәлсиз тәреплерин салыстырып көрип, олардың топарларда болған мүмкиншиликлер ҳәм оларға қарата айтылған қорқытыўлар менен қалай сәйкес келетуғынына қараңлар. КҮШЛИ ТӘРЕПЛЕР / ҲӘЛСИЗ ТӘРЕПЛЕР БАР БОЛҒАН МҮМКИНШИЛИКЛЕР / БАР БОЛҒАН ҚОРҚЫТЫЎЛАР Алтыншы бап Тири жәмәәт Филимонға сәлем! Және де, апамыз Афияға, бизлер менен бирге Қудайдың әскери болған Архипке ҳәм сениң үйиңдеги исениўшилер жәмәәтине де сәлем жоллаймыз. Филимон 1:1–2 Жақсы белгили болған Канада шопаны ашлықтан қыйналып атырған марксист Эфиопиядағы жергиликли жәмәәттиң жетекшиси менен биргеликте азанғы аўқатты жегеннен соң, бәлент даўыс пенен былай деген еди: — Сиз ҳәм сизиң жәмәәтиңиз коммунистлик режимде соншелли жаман жасайтуғын шығарсыз?! Халықаралық Хош Хабаршы аўқамынан Рег Реймер (Reg Reimer) Эфиопияда қонақта болған топардың басшысы болды. Оның айтыўы бойынша, бул сөзлер айтылғанда, жергиликли жәмәәт жетекшиси әтирапына қарап шығып, жүдә өлпең даўыс пенен өз елиндеги күшли қыйыншылықлар ҳәм масихыйларды нызамсыз қамаққа таслаў ҳаққында сөз ете баслап, былай деген екен: — Бул қыйыншылықлар бизиң халқымыздың исенимин беккемледи. Бурынғы тыныш ўақытларға қарағанда, қыйын күнлерде адамлар исенимге көбирек келеди. Мен де сизиң елиңизде болғанман ҳәм сизиң жәмәәтлериңизде де күшли қыйыншылықлар ҳәм азғырылыўлар бар екенин билемен. Көп масихыйлар затларға ийе болыў менен байланып қалған болып, жарлы адамлардың мүтәжликлери туўралы аз қайғырады. Көп масихый хожалықлар бузылмақта. Гейбир жәмәәтлер адамларды ойын-заўық бағдарламалары менен өзлерине тартыўға ҳәрекет етеди. Өйткени оларда Масихтың тәлийматы жеңил түрде түсиндириледи. Мен өзим көрген ҳәм еситкен нәрселерим себепли қапа болдым. Эфиопия жәмәәтиниң жетекшиси өз сөзин былай жуўмақлады: — Негизинде, ҳәтте, мен де қайсы жәмәәттиң жағдайы жақсы екенин билмеймен: сизиң бе, я бизиң бе?! ЖӘМӘӘТТЕ ИСЕНИМНИҢ КӨРИНИЎИ Еркин дүньядағы жәмәәтлердиң көпшилик бөлеги рәсмий түрде тән алынған болып табылады. Бул жәмәәтлер Ийемиз Ийса Масихқа деген исенимин имаратлар тиклеў, ҳәр қыйлы масихый шөлкемлер ҳәм бағдармалар жаратыў, қайыр-сақаўат ислери ҳәм т. б. арқалы көрсетеди. Олардың даўамлы болыўы көбинесе жақсы жағдай талапларын сақлаўға байланыслы. Еркин жәмийетте исенимниң булай көрсетилиўи мүмкин ҳәм пайдалы болып, ол жәмәәтти турақлылық ҳәм мийрас пенен тәмийинлейди. Деген менен, исенимниң бул тәризде көрсетилиўи масихыйларға душпан болған көп еллерде қадаған етилген. «Қудайдың контрабандашысы» сыпатында жақсы белгили болған туўысқанымыз Андрейдиң айтыўынша, ол жәмәәт жетекшилериниң тек еки түрин ғана ушыратқан екен. Олардың бириншилери: «Бул жерде ондай болыўы мүмкин емес» ҳәм екиншилери: «Бизлер бурын бундай нәрсени бул жерде болыўы мүмкин емес деп ойлаған едик», — дейди. Басқаша айтқанда, еркин дүньяда жасаўшы бизлердиң ҳеш биримиз де жәмәәт исенимниң сыртқы көрсетилиўинен толық ғәрезли болады, деп шамалаўға ҳақымыз жоқ. Исенимниң бундай көрсетилиўинен бас тартқан жағдайда яки Ийса Масихтың Хош Хабарының халыққа жәрияланыўы жүдә қыйынға соқса, исениўшилер жәмәәти қалайынша даўам етип жасай алады? Жәмәәт исениўшилердиң ҳақыйқый жыйыны бола ма ямаса ол белгили бир хызмет пе? Биз өткен әсирде, масихыйлыққа қарсы тәртиплерге ийе болған еллерде жасаған туўысқанларымыздың тәжирийбеси арқалы көп нәрселерди үйрене аламыз. Мысалы: Қытайда 1949-жылы ҳүкимет басына коммунистлер келгенде, елде өзлерин Хош Хабаршы исениўшилер деп есаплаўшы бир миллион адам бар еди. Бирақ, енди қараңлар, сол ўақыттан бери қандай ўақыялар болып өтти: масихый жетекшилерди қуўдалап, қамаққа салды. Көп масихыйларды өлтирди. Ҳүкимет рәсмий жәмәәтти он үш жыл даўамында тән алмады. Ал үй жәмәәтлери елиў жылдан көбирек ўақыт даўамында қуўдалаўлардан азап шекти. Барлық қыйыншылықларға қарсы, елдеги тири масихый гүўалық бурынғыдай тири ҳәм тәсирге ийе! Жәмәәт неше есе артық өсти ҳәм шамалаўынша, ҳәзир жетпис миллион адамнан ибарат екен. Қытайдағы жәмәәт 1960-шы ҳәм 1970-жыллары өз исенимин ашық көрсете алмады. Қудайдың жолы менен жүриўди даўам етиў ушын, оған сыйыныўдың жаңа усылларын табыўға туўра келди. Бирақ ол буған жетисе алды ма? Әлбетте, 1950-жыллар басында, Қытайдағы масихыйлар исенимди ески, улыўма қабыл етиў түрлеринен толық бас тартты. Оларға сыйыныў бойынша сақ ҳәм абайлы болыўға туўра келди. Әне усы усыллар жүдә тәсирли болды. Көп адамлардың биргеликте сыйыныў түрин узақ ўақыт даўамында сақлап қалыўға тырысқан басқа исениўшилер топарлары да болды. Буннан олар күшли азап шекти. Олардың көплери қамаққа түсти, басқалары өлтирилди. Қудай олардың беккемлигин ҳәм турақлығын жоқары баҳалайды ҳәм Павелдиң айтқанындай, олар өзлериниң азап шеккени арқалы Хош Хабардың тарқатылыўына жәрдемши болғанына исенимли бола алады. Бирақ елдиң ҳүкимети исенимди көпшиликке көрсетиў усылларын кем-кемнен жоқ қылып бара берди. Пүткил дүнья жүзи бойлап, көп масихыйлар ўақыялардың булай өзгергени себепли терең тәсирленди ҳәм не қылыў кереклигин билмеди. Олар түсинбей: «Қудай Қытайды жалғыз таслап кетти ме, бул елде Қудайдың жәмәәти набыт болмады ма?» — деген саўал қойды. Деген менен, ўақыт өтиўи менен жәмәәтке садық болған исениўшилер Мухаддес Руўхтың басқарыўында аўлақ өткизилетуғын жыйналысларда өз исенимин билдирмей, бирақ исенимин көрсетиўдиң ҳәр қыйлы жолларын тапқан! Басқа тәрептен қарағанда, Сауд Арабстанында бир мың төрт жүз жыл даўамында рәсмий түрде тән алынған масихый жәмәәт болмады. Бул елдиң Масихқа исениўши ҳәр бир пуқарасының тәғдирине өлим жазасына тартылыў жазылған еди. Солай болса да, өзлериниң қарсылық көрсетиўи өлим қәўипи астында болыўына қарамастан, елде жасаўшы ҳәм оннан қашып шыққан масихыйлар жасырын ушырасыўды даўам ете берди. Жәмәәтке садық болған адамлардың жыйналыс ушын қолланған жолларының ҳәм усылларының дөретпелик жақтан ҳәр қыйлылығына тек таң қалыўға болады. Қәўипсизликти сақлаў мақсетинде, бул усыллар ҳәмме ўақытта да жәрия қылына бермейди. Бирақ исениўшилер қаслық тәртиплер жағдайында Қудайға сыйыныўды ҳәм сан жағынан да, руўхый жақтан да өсиўди даўам етпекте. Оларға аман қалыў ушын Мухаддес Руўхтың басқарыўындағы тапқырлық жәрдем етеди. Туўысқанлар исениўшилер менен қарым-қатнас жасаў ушын ең әпиўайы жолларды қолланады ҳәм базы жағдайларда топарды аман сақлап қалыў ушын жыйналыс орынларын ҳәмме ўақытта өзгетиўге туўра келеди. Қудай бул туўысқанлардың Ийемиздеги батырлығын есапқа алады ҳәм нәтийжеде Қудайдың Патшалығы жаңа исениўшилер менен көбейип барады. Бир масихый өз қәўиминиң, ҳәтте, дем алыс ўақтын да сыйыныў ҳәм гүўалық бериўге бағышлайтуғыны ҳәм бул иске дыққат қаратпаў ушын жүдә сақлық пенен ислейтуғыны ҳаққында сөз еткен еди. Гүўалықлар менен бөлисип, Қудайға сыйыныў ҳәм өз ара бир-биреўди қоллап-қуўатлаў ушын, үш ямаса төрт адамнан ибарат болған топарлар, ҳәтте, жәмийетлик орынларда да ушырасады. Булардың ҳәммеси Сауд Арабстанының қақ орайында, ислам бесиги турған жерде болып өтеди. ИСЕНИМДИ КӨРСЕТИЎДИҢ СЫРТҚЫ ЖОЛЛАРЫ Масихқа деген исенимди көрсетиўдиң сыртқы жолларына неке қыйыў, жаназа оқыў ҳәм суўға шомылдырыў рәсимлери болып табылады. Масихыйлыққа қаслық қатнаста болған айырым ҳүкиметлер жәмәәтте неке қыйыў ҳәм жаназа оқыўға рухсат етсе де, басқа нәрселерди қадаған етеди. Бурынғы Советлер Аўқамындағы базы масихыйлар, ҳәтте, Хош Хабарды ашық түрде жәриялаў қадаған етилген жағдайда да, бул рәсимлерди халық алдында гүўалық көрсетиў ушын қолланған. Әсиресе ҳүкиметке жаназа оқыў ҳәм жерлеў рәсимлерин қадағалаў қыйынға соғады. Масихыйлыққа қатты қарсы болған жәмийетлерде де масихыйлардың өз жақыны себепли қайғырғаны адамларды күшли тәсирлендиргенликтен, олар кейин ала Масихқа келеди. Ал суўға шомылдырыў рәсими жәмәәт өмири ушын жүдә әҳмийетли болған рәсим болып табылады. Ол исенимге жақында келген адамның Масихтың өлими, жерлениўи ҳәм өлимнен тирилиўине қосылыўының тымсалы болып, көп мәдениятларда адамның масихый болғанын тән алатуғын гүўалық болып табылады. Суўға шомылдырыў рәсиминде исениўши өзиниң бурынғы өмир ушын өлгенин ҳәм жаңа өмир ушын өлимнен тирилгенин татыйықлайды. Жәмәәттиң пүткил тарийхы даўамында, суўға шомылдырыў рәсими бул рәсимнен өтип атырғанлар ушын да, рәсимде қатнасыўшы исениўшилер ушын да сыйыныў түри болды. Ерте заманлардағы масихыйлар исенимге жақында келгенлерди мүмкиншилиги барынша, бәрқулла ҳәм ҳәмме жерде суўға шомылдырыў рәсиминен өткизген. Ийсаның Иорданда суўға шомылдырылғаны сыяқлы, бул жийи-жийи халық алдында болып өткен. Бирақ бул тек еки адамның қатнасыўында, шөлде болып өтиўи де мүмкин еди (Ел. исл. 8:36–39 ға қараң). Дыққат аўдарыңлар: айрықша жағдайларда, суўға шомылдырыў тек жәмәәт жетекшилери тәрепинен емес, ал әпиўайы масихыйлар тәрепинен де өткизилиўи мүмкин (Юхан 4:1–2; Ел. исл. 8:36–39; Коринф. 1-х. 1:11–17 ге қараң). Еркин жәмийетте суўға шомылдырыў рәсими белгили усыл ҳәм буған толық ҳуқықлы болған белгили адам тәрепинен өткизилиўи ушын тийкарлар көп. Бирақ Жаңа Келисим заманында, қуўдаланып атырған жәмәәтте жағдай басқаша болды ҳәм қуўдаланып атырған жәмәәтте бүгин де белгиленген барлық қағыйдаларды орынлаў мүмкин емес. Суўға шомылдырыў рәсимин шектен тыс қупыя жағдайда ҳәм бар болған нәрселер жәрдеминде өткизиў ушын жобаластырыўға туўра келеди. Солай болса да, жасырын суўға шомылдырыў рәсиминде қатнасқан масихыйлардың гүўалықлары бундай жағдайлардың жоқары руўхый мийрими ҳаққында сөз етеди. Бундай ўақыя Непалда болып өткен еди. Жаңа исенимге келген он мыңнан аслам адам тек бир белгили мәмлекетлик хызметкер болған суўға шомылдырыў рәсиминде қатнасқан! Ол топар-топар адамларды суўға шомылыў ушын жыйналды деп ойлап, ҳеш кимге итибар берместен, өзи ушын арнаўлы таярланған аўқатларды рәҳәтленип жеген. Суўға шомылдырыў рәсиминен өткени ушын исенимге жақында келген индусларды жети жыллық қамақ күтип турған еди. Суўға шомылдырыў рәсиминен усындай батырлық пенен өтиўге таяр болған ҳәр бир исениўши қандай жағдай болыўына ҳәм ҳүкиметтиң басым көрсеткенине қарамай, Масих ушын қулақ асыўшы гүўа болады деп шамалаўға болады. Мысалы: сол Непалда, өткен әсирдиң тоқсаныншы жыллары жәмәәттиң жүдә тез өскени байқалған. ҮЙ ЖӘМӘӘТЛЕРИ Биз сизлер мен биргеликте жәмәәттиң бес ўазыйпасын изертлеп шықтық (Хош Хабар айтыў, шәкирт таярлаў, хызмет, қарым-қатнас ҳәм сыйыныў). Олар Жаңа Келисим жәмәәтинде усылай иске асырылған еди. Мүмкин, сизлер усы ўазыйпалардың ҳәммесиниң үй жәмәәтлеринде иске асырылғанын байқаған шығарсыз. Бирақ ерте заманлардағы жәмәәт тек үй жәмәәтлери менен шекленип қалмаған. Исениўшилер Ибадатханаларға, мәжилисханаларға, жыйналыс орынларына, ашық жыйналысларға барған, дәрья бойларында, кемелерде ҳәм басқа орынларда ушырасқан. Жәмәәттиң бес ўазыйпасын кишкене үй жәмәәтинде де орынлаўға болады деген түсиник руўхландырады. Ал жазалаў тәртиплерге ийе болған көп еллерде бул ўазыйпаларды тек меншик үйлерде ғана иске асырыўға болады. Жаңа Келисим бес «үй жәмәәтине» айрықша дыққат аўдарады. Деген менен, олардың саны еле де көбирек болғаны анық (Рим. 16:3–5, 23; Коринф. 1-х. 16:19; Колоса. 4:15; Филим. 1:2 ге қараң). Үй жәмәәти көп артықмашылықларға ийе. Жыйналыс ушын имарат қурылысы ҳәм оны күтиў ушын көп қаржы сарплаўдың ҳәжети жоқ. Үйдеги қарым-қатнаста жыллы жүзлилик ҳәм дослық жағдайын сақлаў аңсатырақ. Үйдеги ушырасыўлар ҳүкиметтиң дыққатын өзине қаратпайды, исениўшилер жыйыны бир үйден екинши үйге аңсат ғана өтип жүре алады. Әлбетте, жыйналатуғын орынның кишилиги үлкен машқала болыўы мүмкин. Бирақ бул исениўшилерди кишкене топарлардағы ушырасыўларға ийтермелейди ҳәм ол еле де тығыз қарым-қатнас қылыўға, үлкен ашықлыққа, есап бериўге ҳәм бир-биреўге еле де жақсырақ хызмет етиўге алып келеди. Егер үйде жыйналыў ушын топар жүдә үлкен болса, онда ол екиге бөлинеди ҳәм сол тәризде жәмәәт көбейип бара береди. Үй жәмәәтиниң айқын кемшилиги исениўшилердиң ҳәр қыйлы топарлары арасында қарым-қатнастың жоқ болыўы болып табылады. Айрықша қатал тәртипке ийе еллерде бул кемшилик жетискенликке айланады. Себеби бир топар көзге түсип қалса, сол топардың ағзалары басқа топарлардағы исениўшилерди сатып бере алмайды. Ал тәртиби онша қатал болмаған еллерде үй жәмәәтлери ҳәр түрли топарлардың исениўшилери арасындағы қарым-қатнасқа жәрдем етиўи ушын, гейде биргеликте жыйналыслар өткизиўи ҳәм ўақты-ўақты қарым-қатнасқа еле де кеңирек дәрежеде қуўаныўы мүмкин. Мысалы: байрам күнлери. Қытайда бир неше үй жәмәәтлери улыўма халықлық байрамлар ўақтында, қала паркинде дем алыс шөлкемлестириўди келисти. Ҳеш ким де халық алдында сыйынбақшы емес еди. Бирақ ҳәмме масихыйлар биргеликте жыйналған «жасырын» исениўшилерди көрип, үлкен жигер алды. Ерте заманлардағы жәмәәт тәжирийбесине және қарайтуғын болсақ, жәмәәт халық алдында бир неше күн даўамында Қудайға хызмет етиў жыйналысларын өткизгеннен кейин, қуўдалаўлар басланды. Ҳүкимет Петр ҳәм Юханға ўаз айтыўды қадаған еткеннен соң, елшилер өз шәкиртлерине қайтып келди. Сол ўақытқа келип, Ерусалим жәмәәти бирге жыйналыў ушын әлле қашан жүдә үлкейип қалған еди. Бирақ Петр ҳәм Юханның топарындағы исениўшилер ҳүкимет тәрепинен қорқытыўлар тоқтатылыўы ушын дуўа етиў мақсетинде биргеликте жыйналды (Ел. исл. 4:23 ке қараң). Сол ўақытлары шопанлар пүткил халыққа белгили ҳәм ҳәр бир адам ушын қол жетер еди. Степанның өлиминен соң, жәмәәт өзин еле де сақ тута баслады. Буны Барнаба араға түспегенше, Павелдиң шопанлар менен Ерусалимде ушырасыўы қыйынға соққанынан көриўимизге болады (Ел. исл. 9:26–28 ге қараң). Деген менен, барлық сақлық шараларына қарамастан, Яқыпты қамаққа салып, өлим жазасына буйырды. Буннан соң, Петрди қолға алып, оны да өлим жазасына буйырды. Сол ўақытлары исениўшилер ҳәр түрли топарларға бөлинген болып, бир жерде жыйналмайтуғын еди. Деген менен, жәмәәт Петрдиң азат етилиўи ушын күшли дуўа етти. Периште кәраматлы жол менен елшини азат еткенде, ол Марк деп аталған Юханның үйине келди. Петр сол жерде дуўа етиў жыйналысы өткизилип атырғанынан хабардар еди. Дыққат аўдарыңлар: олар қапыны жаўып қойып жыйналып отырған еди. Петр келип, қапыны қағыўға мәжбүр болды. Исениўшилер өзлерин жүдә сақ тутты ҳәм қапыны дәрҳал-ақ ашқан жоқ. Петр де өзин жүдә сақ тутты. Ол өзиниң кәраматлы жол менен азат етилгенин айтып бергеннен кейин, дәрриў кетип қалды (Ел. исл. 12-бапқа қараң). Сақлық көрсетиў қорқақлық я ҳәлсиз исенимнен дерек бермейди. Кейин ала, Павел ҳәм Барнаба Ерусалим жәмәәтинде ушырасқанда, ол жерде ақсақаллар да, елшилер де бар еди (Ел. исл. 15:4, 22; 21:17–19 ға қараң). Мүмкин, олар пүткил Ерусалим бойлап тарқалып кеткен көплеген үй жәмәәтлериниң жетекшилери болса керек. Минез-қулықтың бундай принципин қаслық жағдайда болған ямаса өз елиниң ҳүкимети басым көрсетип атырған жәмәәт қабыл етип алса болады. Жәмәәт ҳүкиметке әлле қашан таныс болған жетекшилердиң қатнасыўында ашық гүўалық айтыўды даўам етсе болады. Бирақ исениўшилер жәмәәттиң барлық бес ўазыйпасын жақсы иске асыра алатуғын кишкене топарларда жыйналса да болады. Усы тәризде, халық алдында гүўалық бериў тымсалый түрде айтқанда, үлкен истиң басламасы ғана. КИШКЕНЕ ТОПАРЛАР 1982-жылы Эфиопияда ҳүкиметти коммунистлер басып алып, жәмәәтлер қуўдалана басланды. Ҳүкимет меннонитлердиң имаратлары менен мал-мүликлерин өзлестирип алды. Көп масихый жетекшилер қамаққа салынды, ал жәмәәтлердиң ағзаларына жыйналысыў қадаған етилди. Жетекшилерсиз, имаратсыз ҳәм ашық жыйналысыў мүмкиншилигинен айырылған жәмәәт жасырын болып қалды. Ҳәтте, бундай жағдайда биреў ҳүкиметке жеткизип барады деп қорққанлықтан, исениўшилер бәлент даўыс пенен қосық айта алмады. Арадан он жыл өткенде, елде коммунистлик ҳүкимет аўдарылып, жәмәәт жасырын болыўды тоқтатты. Көплер усы он жыл ишинде жәмәәттиң бес мыңнан он бес мыңға көбейгенин билип, таң қалды. Қытайда да кишкене топарлардың эфиопиялық үлгиси жақсы пайдасын ҳәм күшин көрсетти. Бул үлги тек қуўдалаўлар жағдайында ғана жақсы болып табылмайды. Ҳәзирги ўақытта сегиз жүз елиў мың ағзадан ибарат болған дүнья жүзиндеги ең үлкен жәмәәт — шопан Давид Йонги Чоның (David Yonggi Cho) жәмәәти болып табылады. Бул жәмәәт Қубла Кореяның пайтахты Сеулде жайласқан болып, ол топарлардан ибарат жәмәәт жәмәәттиң барлық бес ўазыйпасын иске асырыўына, әсиресе Хош Хабар айтыўға үлкен дыққат аўдарады. Доктор Чо кишкене топар Ийса Масих пенен танысыўға ең жақсы жағдайларды жаратып береди деп есаплайды. Шамалаўынша, «Масихтағы нәрестелер» ярым жыл ишинде «руўхый әкелер» болыўы тийис. Кишкене топарларда бундай жетекшилерди таярлаў ушын ең жақсы жағдайлар жаратылып бериледи. Кишкене топарлар Масихтың жәмәәтине жаңа ағзаларды арттырыў арқалы өсип барыў жолын емес, ал жаңа жергиликли жәмәәтлердиң пайда болыўын тәмийинлейди. Қыйын заманларда да, қолайлы заманларда да, жәмәәт саў болыўы керек. Жаңа Келисим заманындағы биринши жәмәәттиң ислегениндей, жәмәәт өзиниң барлық ўазыйпаларын орынласа ғана саў бола алады (Ел. исл. 2:42–47 ге қараң). Деген менен, егер жәмәәтлердиң ағзалары тек екшемби күнги жыйналысқа ямаса сыйыныўға келсе ғана бундай болыўы мүмкин емес. Сонлықтан кишкене топарлар ўазыйпалардың теңлигин сақлаў ямаса бир автордың айтқанындай, жәмәәттиң «еки қанаты» болыў ушын зәрүр. Бул тымсалый сөзлер арқалы нелер нәзерде тутылғаны түсиникли. Биз дәстүрий ямаса рәсмий тән алынған жәмәәт жаман демекши емеспиз. Бирақ, кишкене топарларсыз жәмәәт толық ҳәм тең салмақлы болмай, ҳәлсиз болыўы анық. Бундай жәмәәт Мухаддес Китапта көрсетилген ҳақыйқый қарым-қатнасты орынлай алмайды. Төменде исениўшилер қарым-қатнас арқалы қандай көрсетпелер алатуғыныны бойынша шама менен келтирилген дизим тур: • Бир-бириңизге хызмет етиңлер (Галат. 5:13); • Бир-бириңизди қабыл етиңлер (Рим. 15:7); • Бир-бириңизди кешириңлер (Колоса. 3:13); • Бир-бириңиз бенен сәлемлесиңлер (Рим. 16:16); • Бир-бириңиздиң аўырманлығыңызды көтерисиңлер (Галат. 6:2); • Бир-бириңизди туўысқан сыпатында сүйиңлер (Рим. 12:10); • Бир-бириңизди ҳүрмет етиңлер (Рим. 12:10); • Бир-бириңизге жол-жорық бериңлер (Рим. 15:14); • Бир-бириңизге бойсыныңлар (Ефес. 5:21); • Бир-бириңизге ақыл-нәсият айтыңлар (Салоника. 1-х. 5:11). Топар тор сыяқлы болып, ол ҳәр қандай дөретпени қурастыратуғын гербиш болып табылады. Солай етип, егер жәмәәт қарым-қатнасқа ийе болған көплеген бөлеклерден ибарат болмаса, ол жәмәәт емес. Бул бөлеклер бир тутас денени пайда етиў ушын, өз ара бирлеседи. Жаңа Келисим жәмәәти анық усындай үлги бойынша дүзилген еди. Топарлар он адамнан ибарат болса қолайлы болады. Ал топарлар он еки адамнан көбирек болса, онда ол қайтадан өсиўди баслаў ушын бөлиниўи керек болады. Исенимге жақында келип, топарға тез арада қосылатуғын адамның тымсалы сыпатында бир отырғышты таярлап қойған мақул. Отырғыш топарға Хош Хабар айтыў ўазыйпасын бәрқулла еслетип, дуўа етиўде усы тақырыпқа дыққат қаратыўға жәрдем береди. Деген менен, кишкене топардың ҳәр бир жыйналысы жәмәәттиң басқа төрт мақсетин де гөзлеў кереклигин умытпаў керек. Ҳәр бир жергиликли жәмәәт өзиниң барлық ағзаларына жуўапкершилик жүкленгенде ҳәм шопанға жалғыз жетекши сыпатында қарамағанда ғана табыслы түрде жумыс алып барады. Егер жәмәәт өскиси келсе, жәмәәттиң әпиўайы ағзаларында жетекшилик қәсийетлерин тәрбиялаў — шәртли нәрсе. Бизиң Ийемиз Өз жәмәәтин бир адамнан ибарат болады деп есапламады. Жәмәәттиң барлық ағзаларын қатнастырмай турып, жәмийетте табыслы түрде Хош Хабар айтыўға ерисиў пүткиллей мүмкин емес. Шопанлар әпиўайы ағзаларды таярлаў ушын ўақыт ажыратыўы тийис. Және де, олар басқа исениўшилерге өз ҳуқықларын бөлистириўи керек. Қыйын ўақытларға таярлық көриўдиң ең жақсы усылы пүткил жәмәәт ағзаларының ҳәр бириниң Қудай Патшалығында белгили ҳәм теңи-тайы жоқ исти атқарыўға арналғанын түсиниўге жәрдем бериўден ибарат. Вьетнамдағы бир шопан өзиниң сөзсиз қамалатуғынын билип, жәмәәтиндеги отыз ағзаның ҳәммесин жетекшилик ўазыйпаларды орынлаў ушын муқыятлы түрде таярлады. Сол күн келгенде, шопанды алыстағы лагерьге жиберди. Кейин ала ол жәмәәттиң үш жүз адамға дейин көбейгенин еситкенде, үлкен жигер алды. Егер биз үйреншикли пикир жүргизиўди жеңиўди үйренсек ҳәм Мухаддес Руўхтың басқарыўы астында бойсынғыш болсақ, онда Масих ҳаққында хабарды ҳеш қашан унатпаған жәмийеттеги өмиримиз толық болыўы мүмкин. Өзиңизге бурыннан орнатылған дәстүрлер менен әдетлердиң тутқыны болыўға жол қоймаң. Бизиң Қудайымыз барлық мүтәжликлеримизди қандырыўға, ҳәр қыйлы жоллар менен бизди жарылқаўға қүдиретли. Бүгин-ақ, өз исенимиңизди жаңа ҳәм еле де әпиўайы жол менен көрсетиўди баслаң. Бул мәселеде Мухаддес Руўхтың басқарыўына исениң. Топардағы сабақлар Роллерге бөлинип, шынығыў өткизиў: Қытай үй жәмәәтлери үлгиси бойынша ис тутың. 1. Қосықларды әстен айтың Қытайдағы көп масихыйлар нызамсыз түрде жыйналысады ҳәм олар қоңсыларының буны билгенин қәлемейди. Олар алғыс қосықларын айтқанды жүдә жақсы көреди. Сонлықтан, олар бир-бирине жақын отырып, сыбырлап қосық айтады. 2. Мухаддес Китап үзиндилерин көширип жазыңлар Айырым Қытай үй жәмәәтлеринде Мухаддес Жазыўдың үзиндилерин көширип жазады. Бул Мухаддес Китаптың нусқалары аз болғанлықтан исленбейди. Ал бул Қудайдың сөзин жүрекке терең егиўдиң ең жақсы жолы деп есапланады. Топардың ҳәр бир ағзасы Мухаддес Китаптың бес ямаса он аятын қолдан көширип жазады ҳәм оларды ядлайды. Кейин барлық қағаз бетлери биргеликте желимленип, оралма қағаз түрин пайда етеди ҳәм ол исениўшилердиң биреўине бериледи. 3. Өзиңизде болған азап ҳәм қайғы тәжирийбеси менен бөлисиң Топардың ҳәр бир ағзасы Ийса ушын қалай азап шеккенин айтып бериўи тийис. Егер Қытай үй жәмәәтиниң жыйналысында, сиз: «Менде ҳәммеси жақсы», — десеңиз, онда ҳәмме сизиң руўхый өмириңизде бир нәрсе жетиспейди деп есаплайды. Егер сиз Масих ушын әҳмийетли болсаңыз, онда азаплар ҳаққында бир нәрсе айтып бере аласыз. Болмаса, сизиң масихый екениңизди қалай билиўге болады? Бул нәрсе адамға өзин қоршаған дүньяның көз алдында басқаша болып көриниўге қандай батырлық беретуғыны ҳаққында ойлап көриң. 4. Ҳәр бир жаңа ҳәптеде Мухаддес Китаптың жаңа аяты менен жасаңлар Үй жәмәәтлеринен болған масихыйлар Қудайдан Мухаддес Жазыўдың бир аятын бериўди жийи-жийи сорайды. Ал соң, олар пүткил ҳәпте бойы өмириндеги барлық ўақыяларды усы аяттың мазмуны менен сәйкес қылады. Келеси ҳәптеде олардың ҳәммеси топарға бир аят арқалы өмир мектебинде нелерди үйренгенин айтып береди. 5. Өзиңиз қамақта болғандай болып, дуўа етиңлер Қамақтағы өмир жүдә қатал болып, әдетте камералар да жүдә тар болады. Вэньчжоудағы базы үй жәмәәтлеринде исениўшилер өзлерин қамақтағы туўысқанларға мегзетеди. Олар бул ушын узынлығы 2,7 метр шамасындағы кеңисликти қоршап, кейин оның ишиндеги еденге тығылысып жатады. Олар усылай жатқан ҳалда қамақта болғанлар ушын дуўа етеди ҳәм өзлериниң жақынларының қандай аўҳалда екенин еслейди. 6. Хош Хабар жәрияланыўға мүтәж болған елиңиздеги аймақлар ушын дуўа етиңлер Қытай үй жәмәәтлери елдиң Хош Хабар жәрияланыўға мүтәж болған аймақлары ушын дуўа етиўге көп ўақыт сарплайды. Бул Ханьяндағы мусылманлар ҳәм таўлы Тибеттеги Далай-ламаның избасарлары. Сиз де өз дуўаңызда елиңиздиң Хош Хабар жетип бармаған аймақларына барасызлар. Талқылаў ушын сораўлар: 1. Коммунизм Қытайдағы ҳәм Эфиопиядағы жәмәәтлерди жоқ қыла яки өзгерте алды ма? Өз жуўабыңызды тийкарлаң ҳәм анықлаң. 2. Сиз усы бапта көрсетилген масихый қарым-қатнас ҳаққында қашан болмасын ойланып көрдиңиз бе? Сиз өзиңиз усындай қарым-қатнаста болып көрдиңиз бе? 3. Саны жағынан жүдә көбейип кеткен жәмәәт топары үйде жыйналыўы ушын не қылыўы керек? 4. Масихыйларды алыс жерлерге жиберип, шайтан неге ерисиўге тырысады? Оның усындай усылы өзине қарсы шығыўы мүмкин бе? Қалайынша? 5. Жергиликли аўҳалға бейимлесиў ушын, рәсмий тән алынған жәмәәттиң тәжирийбесин азырақ «дүзетиўге» ҳәрекет етип көрмедиңиз бе? Усы тақырыпты талқылаң. (Дыққат: көп жағдайларда, бизиң сабақларымызды қолланыў «дүзетиў» усылларының бири болып табылады.) Жетинши бап Масихый хожалық Балаларыңның ҳәммеси Жаратқан Ийеден тәлим алады, олар уллы тынышлыққа бөленеди. Ийшая 54:13 Арық денели, қартайған бир адам келиншеги ҳәм төрт жасар улы менен жасайтуғын өз улының хожалығына көшип келди. Ғаррының қоллары қалтыраған, көзи әззилеп қалған болып, аяқларын басып жүриўи қыйын еди. Пүткил хожалық дастурхан әтирапына жыйналды. Ғаррының көзлери аўқатты көрмегенликтен, қалтыраған қоллары менен аўқат жеўи қыйын еди. Аўқат қасықтан еденге түсип, ғарры кесени қолына алғанда, ишиндеги сүт дастурханға төгилетуғын еди. Бул жағдай ғаррының улы менен келининиң ашыўын келтире баслады. «Ғаррыны бир нәрсе қылыўымыз керек», — деди улы. «Төгилген сүт, даўыс шығарып шайнап жеў ҳәм едендеги аўқат мениң жаныма тийди», — деди келини. Олар ғарры ушын мүйешке бөлек кишкене стол қойды. Басқалары үлкен дастурхан әтирапында бир-бири менен сөйлесип отырғанда, ғарры сол жерде жалғыз отыратуғын еди. Ғарры бир неше табақ ҳәм кесени сындырып қойғанлықтан, оған ағаш ыдысларға аўқат салып бере баслады. Гейде хожалық ағзалары ғаррыға қарап жибергенде, жалғыз ғаррының көзинде жас көрди. Солай болса да, ғарры шанышқыны түсирип, ишимликти төккенде, олар тек ақыл үйретиўди ғана билди. Төрт жасар нәресте болып атырғанларды үнсиз бақлап турды. Күнлердиң биринде, кешки аўқаттан бурын, әкеси улының еденде ағаш бөлеклери менен ойнап отырғанын байқап қалды. Ол улынан мүләйимлик пенен: «Улым, не қылып атырсаң?» — деп сорады. Улы да мүләйимлик пенен: «Мен үлкейгенде, сизлер аўқат жеўиңиз ушын, саған ҳәм апама ағаш ыдыс соғып атырман», — деп жуўап берди де, мыйық тартып, исин даўам етти. Бул сөзлерди еситкенде, баланың ата-анасының үстине муздай суў қуйылғандай болып, олар не айтарын билмей қалды. Кейин олардың жүзлерин көз жаслары жуўа баслады. Олар ҳеш нәрсе демесе де, өзлериниң не ислеў кереклигин билетуғын еди. Сол күни кеште-ақ, жигит әкесин мийримлилик пенен қолтығынан көтерип, оны улыўма дастурхан әтирапына әкелип отырғызды. Қалған күнлерде, ғарры өз хожалығы менен биргеликте аўқатланатуғын болды. Бирақ ғаррының қолынан шанышқы түсип кетсе, сүт төгилип кетип, дастурхан ўайран болса да, жигит те, оның келиншеги де ашыўланбады. Балалар таң қаларлық дәрежеде тез қабыл етеди. Олардың көзи ҳәммесин көреди, қулақлары ҳәммесин еситеди, сыртқы дүньядан алған барлық мағлыўматты ақылы сиңдирип алады. Егер олар бизиң өз үйимизде бахытлы ҳәм ҳадал жағдайды сабырлылық пенен жаратып атырғанымызды көрсе, онда хожалыққа деген усындай қатнасты бир өмирге ядларында сақлап қалады. Дана ата-аналар өз перзентиниң өмириниң тийкарына ҳәр күни кишкене гербишлерди қалап, оның келешегин жаратып атырғанын түсинеди. МУХАДДЕС КИТАПТЫҢ ХОЖАЛЫҚҚА АЙРЫҚША ДЫҚҚАТ ҚАРАТЫЎЫ Ең бастан-ақ, хожалық Қудайдың жаратылысының тийкарғы бөлеги болды. Қудай дүньяны ҳәм ондағы пүткил барлықты жаратып болғаннан соң, жаратылыс исин Өз көринисиндей қылып, Өзине уқсатып адам жаратыў менен жуўмақлады. Қудай ер адамнан ҳаял адамды жаратты. Қудай есап-сансыз ҳайўанлар менен өсимликлерди жаратқанындай, көп ер адамлар ҳәм көп ҳаял адамларды жаратыўы, кейин адамның бийлигин өмир тийкары сыпатында орнатыўы мүмкин еди. Бирақ Ол буны ислемеди. Қудай хожалық ушын тийкар жаратты ҳәм бул арқалы Өзиниң адамзат пенен болған қарым-қатнасын беккемледи. Әсиресе бул яҳудий хожалығы мысалында анық көринеди. Ески Келисимде Қудай Израил урпақларын қалған дүньядан бөлеклениў ушын шақырғанындай, Адам-атаның хожалығына қарата Адам-ата арқалы сөйледи. Кейин Қудай келеси әўладларға хожалық басшылары арқалы сөйледи. Биз Қудайдың Нухқа сөйлеп, оның пүткил хожалығын қутқарғанын көремиз. Қудай Ибрайым менен келисим дүзген еди ҳәм Ибрайым арқалы бул келисим оның пүткил хожалығы ҳәм урпақлары ушын ҳақыйқый болды. Ҳәтте, Қудай Өзин Ибрайымның, Ысақтың ҳәм Яқыптың Қудайыман деп атап, Өзин усы өсип баратырған хожалыққа мегзеткен еди. Қудай Яқыпты жарылқап, оған он еки ул бергеннен соң, Яқыптың атын Израил деп өзгертти ҳәм Қудайдың халқы «Израилдың уллары» деген ат пенен белгили болды. Арадан төрт жүз жыл өткеннен кейин, Муўсаның туўылатуғын заманына келип, еврей хожалығының бирлиги Муўсаның ата-анасы оның жанын сақлап қалыў ушын өз өмирлерин қәўип астына қойғаны арқалы көринди. Қудайдың халқын Мысырдан шығарыў бойынша шақырығына Муўса жуўап бергеннен соң, оған жәрдем бериў ушын иниси Харон, әжапасы Мәриям, ҳәтте, қәйин атасы Реул Қудай тәрепинен жиберилген еди. Шөлде Қудай Муўсаға еврейлер тәрепинен «шма» деп аталыўшы Нызам берди (Ныз. қайт. 6:3–9; 11:18–21 ге қараң). Бул Нызамда хожалық ҳәм оның ўазыйпалары ҳаққында айтылады. Онда Қудайдың Ким екени бойынша билим, Ийемизди пүткил жүректен сүйиў буйрықлары, бул ҳақыйқатларға балаларды үйретиў ҳәм усы тәлийматты бәрқулла еске салыў арқалы беккемлеп барыў бар. Еврей байрамлары да хожалықты беккемлеп, оның ағзаларын Қудайға жақынлатып барыўы тийис еди. Қутқарылыў байрамы ўақтында, хожалық басшысы әсиресе хожалықтың руўхый басшысы сыпатында көринеди. Ҳәр бир хожалық басшысына бул ўазыйпаларды үлкен улына тапсырыў қатаң буйырылған еди. Израилдың узақ тарийхы даўамында, Мухаддес шатыр менен Ибадатханадан мәжилисханаға дейин, хожалықтың өзинде Қудайға сыйыныў ҳәм садықлық сақланып қалған. Дүньяның көплеген еллеринде, еврейлер саны жағынан аз болғанлықтан ямаса антисемитизм жүдә күшли болғанлықтан, мәжилисхана сала алмай, ашық сыйыныў мүмкиншилигине ийе болмады, яҳудий хожалық өз алдына жасап, сақланып қалды ҳәм оның менен бирге иудаизм де сақланып қалды. Жаңа Келисимде хожалық ҳаққында тәлиймат өзине Ески Келисим тәлийматын сиңдирип алды ҳәм оған жаңа қосымшалар қосты. Күйеўи ҳәм ҳаялы бир дене болады, бирақ Масих жәмәәттиң басы болғаны сыяқлы, күйеўи хожалықтың руўхый басы болып табылады (Ефес. 5:21–23 ке қараң). Ерли-зайыплылар бир-бирине бойсыныўы тийис. Балаларды «Ийемиздиң тәлим-тәрбиясы менен өсириў керек» (Ефес. 6:1–4; Колоса. 3:20–21). ҚУДАЙДЫҢ ХОЖАЛЫҚТЫ ҚОРҒАЎЫ Қудай хожалықты тек орнатып қоймай, ал оны қорғайтуғын нызамларды да берди. Он буйрықтың алтаўы адамлардың өз ара қарым-қатнасына байланыслы. Ал олардың үшеўи хожалықты қорғаўға арналған. • ата-анаңды ҳүрметли; • неке ҳадаллығын бузба; • өзгениң ҳаялын күсеме (Шығ. 20:7–17). Дәслеп Қудай Өзиниң хожалық бойынша ой-нийетин иске асырды, кейин оны иштен бузылыўдан сақлады. Ал соң болса, хожалықты сыртқы ҳүжимлерден қорғады. Ийса усы қорғаўды неке ҳадаллығын бузыў бойынша түсиникти кеңейтиў жолы (Матта 5:27–28 ге қараң) ҳәм айырылысыўды (неке ҳадаллығы бузылған жағдайдан тысқары) қадаған етиў жолы менен қорғады (Матта 5:32 ге қараң). Ийса беккем хожалық Қудайдың ең жақсы ой-нийети екени бойынша анық тәлим берди. Сонлықтан, Павел өз хатларында неке ҳәм хожалық ҳаққында кең тәлийматты усынады. Ол Тимофейге жазылған хатта (Тимоф. 1-х. 5:8 ге қараң) адам өз хожалығы туўралы қайғырмаса, онда оның исенбейтуғын адамнан да жаман екенин айтады (Тимоф. 1-х. 5:8 ге қараң). МАСИХЫЙ ХОЖАЛЫҚ ДУС КЕЛЕТУҒЫН ҚЫЙЫНШЫЛЫҚЛАР Хожалықтың Ийемизге бағышланыўының жоқары дәстүрлери масихый емес сиясий көз-қараслар менен басқарылатуғын көплеген еллердеги масихый хожалықларды қыйын жағдайға салып қояды. Бундай сиясий дүзилислер хожалық тийкарларын ыдыратады. Өйткени олар ушын мәмлекетлик мәплер ата-аналардың мәплери үстинен жоқары турады. Олар өзлериниң диктаторлық амбицияларын иске асырады, ҳеш қандай тийкарларсыз ата-аналарды өз балаларына қәлегенинше ғамхорлық көрсетиўден айырады ҳәм балаларда әдеп-икрамлық қәсийетлерин тәрбиялаўда мәмлекетлик бала бақшалар дүзилиси арқалы хожалықтың жуўапкершилигин басып алыўға ҳәрекет етеди. Олар ата-аналар тәрбиясын балалардың ақыл ҳәм жанларына тәсир жасаў менен аўмастырады ҳәм сол тәризде хожалығын ҳәм өз үйин бала нәзеринде пәс қойыўға тырысады. 1. Ўақыт Тоталитар басқарыў режимине ийе айырым мәмлекетлерде хожалыққа қарсы ҳүжимлер еле де қатал болып табылады. Бул еллердеги бийликке ийе ҳүкимет хожалықтың бирге өткизетуғын ўақтын барынша қысқартады. Ата-ананың екеўи де узақ ўақыт даўамында үйдиң тысында, жумыста өткизиўи тийис болған ўақытта, мәмлекет олардың балаларына «ғамхорлық» көрсетеди. Ҳәтте, ата-ана балалары менен болыў керек болған сол бос ўақыт қатнасыў шәртли болған ҳәр түрли партия жыйналысларына ҳәм аз-маз ажыратылған азық-аўқат ҳәм керекли затларды алыў ушын узын гезеклерде турыўға сарпланады. 2. Тәлим алыў Мәмлекетлик тәрбияшылардың қарамағында болғанда, балалардың ақыл-ойына күшли тәсир жасалады. Олар негизинде масихыйлыққа қарсы ҳәм хожалық қәдирин жасырын бузыўшы тәрбия алады. Жийи-жийи балаларды ата-анасын аңлыўға үйретеди. Бул сөз қәте сөз емес, себеби ол балалардың ата-анасына анық зыян берип атырғанын түсиниўди нәзерде тутады. Әдетте булардың ҳәммеси жасырын, бир қарағанда, билинбейтуғын тәризде бериледи. Балаларды «қырағы» болыўға, егер ата-анасының минез-қулқында қандай да бир «ҳәдден тыс» нәрсени байқаса, буны тәрбияшыға айтып бериўге ҳәм бул ушын сыйлық алыўға үйретеди. Көпшилик балалар ушын бул тек ойын. Деген менен, көп еллерде балалар ҳүкимет ушын әҳмийетли мағлыўмат тийкары болып табылады. Мысалы: Вьетнам ыдырағаннан соң, елден қашып кетпекши болған көп адамлар он еки жастан киши балалары сатып бергени себепли өлтирилди ямаса қамаққа алынды! Вьетнамдағы масихыйлардың айтыўынша, олардың хожалықларындағы ең күшли машқалалардың бири — кишкене балаға Масих туўралы қалай айтып бериў кереклигин шешиў болып табылады екен. Егер жүдә ерте айтып берсе, бала бул мағлыўматларды айтыўға болмайтуғын адамларға айтып берип, хожалық күшли азапқа дуўшар болады. Қытайда ата-аналарды өз балаларын тәрбиялаў ҳуқықынан айырыў әпиўайы ис болып табылады. Егер ҳүкимет ана-анасының балаға Масих туўралы айтатуғынын билсе, олар баланы тартып алыўы ҳәм оны жетимлер үйине тапсырыўы мүмкин. Егер ата-ана балаларына Хош Хабар айтыўды кейинге қалдырса, онда балалар масихыйлыққа қарсы ой-пикирдиң тәсирине толық берилип кетиўи мүмкин. 3. Қызықтырыўшы жемтик Масихыйлар жийи-жийи өз балаларын басқарып турған тәртиптиң дузағына түспейди деп, садаларша исенеди. Бул үлкен қәте. Жазалаўшы ҳүкимет екиленбестен өзлери орынлай алмайтуғын нәрселерди ўәде етеди. Деген менен, соның менен биргеликте, олар орынлай алатуғын ҳәм орынлайтуғын жүдә тийкарлы ўәделер де береди. Идеалистлик кейпиятқа ийе жасларды тез-тез жәмийетлик әдилликти гөзлейтуғын бағдарламалар өзине тартады. Көплеген масихыйлар экономикасы төмен болған аймақларда жасайды. Ол жерлерде аз санлы байлар менен жүдә жарлы аўҳалда күн кеширип атырған көп санлы адамлар арасында теңсизлик бар екени сөзсиз анық. Қытайда болғаны сыяқлы, ҳүкимет өз бағдарламаларын иске асыра баслағанда, жас идеалистлерди ҳүкимет пенен бирге ислесиў мүмкиншилиги қызықтырады. Жасларға күшли тәсир жасаўшы басқа жағдай тәбийғый ўатансүйерлик болып табылады. Жазалаўшы ҳүкимет жеңиске ериссе, ол өзин жалынлы түрде қоллап-қуўатлаўмайтуғынларды «халық душпаны» деп қаралаўға тырысады. Жас адамларға өзлериниң психикасына көрсетилген бундай басымды көтере алыў қыйынға соғады. Жас масихыйлар елдиң басқа турғынларына қарағанда, әдилсизлик пенен коррупцияға көбирек сезимтал болыўы тийис. Ҳүкимет жәмийетлик теңлик ҳәм әдалатлықты ўәде етсе, бул нәрсе жүдә жағымлы болып көринеди. Жазалаўшы тәртиплердиң сиясатын жақсы билиўши адамлар олардың ўәдесинде тура алмайтуғынын ҳәм белгили уранлар кейин ала қурал ҳәм тикенли сым жәрдеминде иске асырылатуғынын түсинеди. Бирақ жас идеализм бул қәўипти түсине алмайды. Коммунистлер өз мақсетлерине жетиў ушын, жаслардан пайдаланады ҳәм жәмәәтти жаман атқа қалдырыў ушын қолынан келген ҳәмме нәрсени иследи. Ҳәтте, олар Мухаддес Жазыўдың абырайын ҳәм Масихтың қудайлығын бийкарлаўшы жәмәәттиң либераль басшыларынан үзиндилер келтиреди. Қудайдың сөзин беккем тутыўшы масихый хожалық ғана ҳүкиметтиң балаларды ҳәм жасларды ҳақыйқат жолынан шығарыў ушын ислеген ҳәрекетлерине қарсы тура алады. 4. Келешек: билим ҳәм жумыс Егер жаслар өз исенимин табыслы түрде сақлайтуғын болса, онда олар бул ушын жуўап бериўге таяр болыўы керек. Жасларды жоқары оқыў орынларына қабыл етпеўи мүмкин. Жумыста олардың лаўазымы көтерилмейди. Пүткил хожалық исеним ушын қуўдалаўлардан ҳәм буған қосымша физикалық зорлықтан азап шегиўи мүмкин. Бирақ егер масихый хожалықлар исениўши жәмәәттиң аман қалыўындағы өзлери тутатуғын орынды түсинсе, онда олар төтепки бериў ушын ҳәмме нәрсени ислейди. Масихый болыў сиясий машқалалар менен жәмийетлик әдилликке деген немқурайдылықты аңлатпайды. Деген менен, елдеги барлық өзгерислер хожалық тийкарларының бузылыўы ҳәм жәмәәтти бийкарлаў есабынан болмай, ал Мухаддес Китап қағыйдаларына тийкарланыўы тийис. ЖӘМӘӘТ ҮЛГИСИНДЕГИ ХОЖАЛЫҚ Душпанның масихый хожалыққа қарсы баслаған урысында, жеңиске ерисиў ушын хожалық көп нәрсе ислей алыўы мүмкин. Масихый хожалық негизинде жәмәәттиң тырнақ тасы ҳәм қандай да бир мәнисте жәмәәттиң өзиниң киши дүньясы болып табылады. 1. Мухаддес Китапты биргеликте үйрениңлер Хожалықтың барлық ағзалары Қудайдың сөзин биргеликте үйрениўи ҳәм Мухаддес Китаптың хожалық ҳаққында тәлийматын жақсы билиўи керек. Мухаддес Китап тәлийматын сәўлелендириўши бундай қарым-қатнасты орнатыўға жүдә салдамлы түрде жантасыў тийис. Бул — минез-қулық нормалары ретинде Мухаддес Китап үлгилерин қабыл етиўдиң биринши ҳәм жүдә әҳмийетли қәдеми. Беккем масихый хожалық тек билимге тийкарланған бола алмайды. Мухаддес Китап принциплерин ис жүзинде көрсетиў толық шәрт. 2. Балаларды Қудайға бағышлаңлар Ата-аналар ҳәр бир баланы Қудайға түсинип турып бағышлаўы шәрт. Буны жәмәәттеги «бағышланыў рәсиминде» ямаса әпиўайы түрде өз үйинде бағышланыў хызметинде ислейди. Егер биз Қудайға бала ўақтында бағышланғанлар ҳәм ҳәзир Оған жеделлик пенен хызмет етип атырғанлар арасындағы пайызлық қатнастың қандай екенин билгенимизде, таң қалған болар едик. Ҳәтте, масихый көсемлердиң өмир тарийхы менен танысыў бул мақуллаўды талап ететуғын режени тастыйықлайды. Әлбетте, бул бағышланыў ата-ананың балаларына жасаўы керек болған руўхый тәсириниң басламасы. 3. Жәмәәттиң бес ўазыйпасын орынлаңлар Масихый хожалық жәмәәттиң бес ўазыйпасын жеделлик пенен орынлаўы тийис. Ол бул исти биргеликте сыйыныўдан баслаўы ҳәм оны ҳәр түрли жоллар менен иске асырыўы мүмкин: бирге Мухаддес Жазыўды оқып, бирге дуўа етиўи, руўхландырыўшы масихый музыка тыңлап, кейин Ийемизди алғыслаўына болады. Ал соңынан, ерте заманларда болған жәмәәт үлгиси бойынша, Ийемизди еслеў кешесинде қатнасыўы яки сыйыныўдың усы ҳәм басқа түрлерин қосып барыўына болады. Әсиресе, егер сыйыныў барысына Ийемизди еслеў кешесин қосса, ол көп тәреплеме яҳудий Қутқарылыў байрамына уқсаўы мүмкин. Усы тәризде сыйыныў пүткил хожалыққа күшли руўхый тәсир жасап, оны беккем қылады. Және де, хожалық шеңберинде, Мухаддес Китапты ҳәм Мухаддес Китап доктриналарын үйрениўди өткериў тийис болады. Гейде хожалықта қыйын доктриналық сораўды талқылаў балаларға жәмәәттеги көплеген ўазларға қарағанда күшлирек тәсир жасаўы мүмкин. Умытпаңлар, масихый билим үйден басланыўы керек. Бирақ хожалықтағы ара-тура болып туратуғын дуўа етиўлер жеткиликсиз болады. Хожалық ҳәр күни биргеликте дуўа етиў ўақытларын өткизиўи тийис. Тағы да, Мухаддес Жазыўды оқыў ҳәм үйрениўди үзликсиз түрде алып барыўды жобаластырыў зәрүр. Бул ең жақсы усыл болып, оның жәрдеминде әке хожалықтың руўхый басшысы сыпатында Мухаддес Китаплық орнын беккемлей алады. Бүгинги күнде масихый хожалық қарым-қатнас қылыўға ҳәм хызмет етиўге жүдә мүтәж. Оның ағзалары бир-бири менен қарым-қатнас жасаў ҳәм бир-бирине көрсететуғын жедел ғамхорлық себепли қуўаныўды үйрениўи тийис. Хожалықтағы басқа ағзалардың мүтәжликлерин сезиўши исениўшилер өзлериниң барлық ислеринде сүйиспеншилик көрсетиўди үйренип барыўы керек. Хожалық ағзалары бир-бириниң аўырманлығын көтериўди үйренсе, өзлерин қоршаған дүньяға Хош Хабар алып барады. Баста ағайин-туўғанлар, кейин қоңсылар ҳәм дослар болады. Олардың көбиси Масих ҳаққында ҳеш нәрсе билмеўи мүмкин. Сүйиўши ҳәм хызмет етиўге таяр болған хожалық бийкарлап болмайтуғын тири Хош Хабар хабаршыларына айланады. Тәжирийбели масихыйлар Қудайға ағайин-туўғанлар менен досларды алып келиў қыйын екенин айтады. Бирақ хожалық турмысы Масих ҳаққында гүўалық берсе, онда Хош Хабар еле де тири ҳәм тәсирли болады. Бундай хожалықтың өзи әтираптағылардың ҳәммеси ушын гүўалық болады. Туўысқанымыз Бирал арабша дуўа етип билетуғын мусылман болған еди. Усы себепли ол Қубла Филиппиндеги кишкене атаўда жасаған қоңсыларының ҳүрметин қазанған еди. Енди туўысқанымыз Бирал масихый. Қуўдалаўларға қарамастан, ол Ийемиз ушын садықлық пенен мийнет етиўди даўам етпекте. Ол күйеўи менен биргеликте тийкарынан бурын мусылман болғанлардан ибарат болған жәмәәтке ғамхорлық көрсетеди. Олардың үйи сүйиспеншиликке толы ҳәм қоңсылардың балалары Биралдың балалары менен бирге усы жерге келип, ойнаўды унатады. Балаларға өзлерин өзгеше нәрселер күтип туратуғын үйге келиў жағады. Бул үйде оларға үлкен сүйиспеншилик пенен қарым-қатнас жасалады. Өз үйинде бәрқулла басқа балалардың болыўы туўысқанымыз Биралға олар менен Масихтың сүйиспеншилигин бөлисиўге жол ашып береди. Бундай хожалық адамларды Масихқа тартады. Хожалық өзине деген Масихтың қутқарыўшы күшин сезип барған сайын, олар жәмәәт сыпатында ҳәрекет етиўди үйренип барыўы да тийис. 4. Дуўа етиўде үлги көрсетиңлер Ата-ана исеним менен дуўа етиўи арқалы балаларына үлги көрсетиўи тийис. Бул олардың жеке дуўа етиўине ҳәм хожалықтың кишкене дуўа етиўши топар сыпатында басқарылыўына байланыслы. Дуўа етиў раўажланып барыўы ушын, дуўаларға Қудайдың жуўап бергенин билип барыў да жүдә әҳмийетли. Ата-ана балаларының түңилип, исенимде ҳәлсизленип кетпеўи ушын, бул мәселеде жәрдем бере алады. Гейде балалар Қудай өзлери сораған ҳәмме нәрсени береди деп ойлап, қәтелеседи. Жәмәәтке қарсы айырым адамлар балалардың дуўа етиўге деген исенимин бузыўға тырысады. Мысалы: оларға конфета сораўды үгитлейди. Балалар Қудайға дуўа етеди, бирақ конфета ала алмайды. Дуўа етиўши хожалықларда өскен балалар бундай ҳийлекерлик ҳәм дузақларға аңсат ғана берилип кетпейди. Усы төрт шәртти орынлаўшы хожалық исенимде беккем турып, Ийемиз ашық турыўға рухсат етпегенше, өзлериниң қуўдаланып атырған жәмәәтине жәрдем бере алады. Бирақ егер ҳүкимет жәмәәт исине және рухсат етпесе, я қадаған қылып тасласа, бундай хожалық бурынғысынша Ийемиз бенен қатнаста беккем тура береди. ЖӘМӘӘТТИҢ ХОЖАЛЫҚТЫ ҚОЛЛАП-ҚУЎАТЛАЎЫ Беккем масихый хожалық қурыў ушын жәмәәт не ислей алады? Жәмәәт ҳәзир-ақ бул бағдарда ҳәрекет етиўи керек шығар. Масихый хожалықларды беккемлеў бойынша, ҳәр түрли еллерден болған масихыйлар бизлер менен бөлискен айырым кеңеслер төмендегилерден ибарат. Сиз бул кеңеслерди өз жәмәәтиңиздиң исениўшилери менен талқылай аласыз. 1. Ҳәр бир исениўшиге Мухаддес Китапта хожалық ҳаққында тәлийматты жеткериң Хожалық тийкарларын бузыўшы заманагөй өмир тәризиниң көз-қарасларынан пүткиллей ўаз кешиў керек болады. Масихыйларға қарсы еллерде қолланған усылларын шайтан еркин жәмийетте де билдирмей қолланады. Масихыйлар ҳәм олардың жәмәәтлери некелерди беккемлеў арқалы айырылысыўлардың алдын алыўға ҳәрекет етиўи тийис. Дүньяның барлық еллери ушын айырылысыўлар санының өсиўи тән болып, масихыйлар арасындағы айырылысыўлар санының өсиўи бизди қатты қыйналдырады. Жергиликли жәмәәтлер масихыйларға хожалықтың барлық көз-қараслары бойынша Мухаддес Китап өлшемлерин, яғный жеке жасырын өлшемлерден баслап, қаржы өлшемлерине дейин түсиниўге ҳәм оларды жаслардың сана-сезиминде беккемлеўге жәрдем берип, оларды некелик өмирге таярлаўы зәрүр. Сонда көп хожалықлар қутқарылып, Қудай алдында жүрип жасаўда беккемленип барады. 2. Исенимге келген жасларға өз хожалықларын таслап кетпеўди үйретиңлер Жасларды өз ата-анасын ҳүрмет қылыўға ҳәм өзлериниң ҳадал өмири арқалы оларды Масихқа әкелиўге ҳәрекет етиўге үйретиў зәрүр. Тилекке қарсы, ата-анасы масихый болмағанлықтан, жасларға хожалық турмысында қатнасыўдан улыўма бас тартыўды тез-тез мәсләҳәт етеди. Бул үлкен қәте. Мүмкиншилиги болғанынша, жас масихыйлар өз хожалықларында қалыўға тырысыў керек. Егер олар масихыйларға душпан болған жағдайда өскен болса, бул ис дурыс болады. Мысалы: атеист ямаса мусылман хожалықларда. Гейде бул дерлик мүмкин емес. Бирақ жас масихыйларға хожалығында қалыўды нәсият етиў тийис. Мухаддес Китапта исениўшиниң исениўши емес адам менен турмыс қурмаўы кереклиги ҳаққында қатаң айтылған. Бирақ ол және егер ерли-зайыплының биреўи исениўши, ал екиншиси исениўши болмаса, онда масихый некени сақлап қалыўы ҳәм өз сүйиспеншилиги менен өмирлик жолдасын Ийемизге әкелиўге ҳәрекет етиўи тийис екенлигин үйретеди (Коринф. 1-х. 7:10–17 ге қараң). 3. Өз жыйналысыңызда хожалығы жоқ исениўшилер ушын өзин өз хожалығында сыяқлы сезинетуғындай шараятты жаратыўға жәрдем етиң Егер қандай да бир масихый хожалық усындай исениўшини «асырап алса», буны әмелге асырса болады. Ҳәр бир исениўши өзин хожалық ағзасы деп сезиў мүмкиншилигине ийе болыў ушын, жәмәәт усындай қарым-қатнасларды қоллап-қуўатлаўы тийис. Егер жәмәәт кишкене болса, онда ол өз ишинде хожалық қарым-қатнасларын жаратыўы керек. Гейбир жәмәәтлер бундай қарым-қатнасларға ийе болмай турып, оларға ийемиз деп ойлайды. Буны тексерип көриў аңсат. Сизиң жәмәәтиңиздеги исениўшилер арасында соңғы дем алыс күнин жалғыз өткизген адам бар ма? Усыны анықлап билиң. Хожалық ағзаларының бирин хожалық байрамына шақыра аласыз ба? Павел Тимофейге исениўшилерге өз хожалығының ағзаларына қатнас жасағандай қатнас жасаў кереклиги ҳаққында сөз еткенде, усындай қарым-қатнаслар ҳаққында айтқан еди (Тимоф. 1-х. 5:1–2; Рим. 16:1, 13; Титус 1:4; Тимоф. 1-х. 1:2 ге қараң). 4. Масихый тәлим бериў бағдарламасын хожалыққа жәмлеў Хожалыққа тәлим бериўде (мысалы: екшемби күни), хожалықты жасына қарай, ҳәр түрли дәрежелерге бөлиўге тырысыңлар. Бирақ, керисинше, оның ағзаларын жәмәәт басшылары ямаса ақсақаллары менен биргеликте тәлим алыўда марапатлап барыңлар. Барлық хожалықлардың бирдей пәнди үйрениўи шәрт емес. Ҳәр түрли тақырыпларды үйренип, тәлим бериў бойынша мағлыўматларды қолланыўға болады. Екшемби күни мектебинде рәсмий түрде қабыл етилген жолдан үзил-кесил айырмашылыққа ийе болған бундай жол хожалықты беккемлеў бойынша жүдә баҳалы. Ҳәтте, ол пүткил жәмәәт өмирине жаңалық келтириўи де мүмкин! 5. Хожалыққа өз өмиринде жәмәәттиң бес ўазыйпасын иске асырыўға жәрдем бериң Айырым рәсмий тән алынған жәмәәтлер бул пикирди өз абырайы менен бийлигине қәўип туўдырыўшы деп түсинип, оның қоллап-қуўатламаўы да мүмкин. Олар қол қойып, дуўа етилиў арқалы тайынланған руўханийлер емес, ал ата-аналардың өзи баланы суўға шомылдыра алатуғыны туўралы пикирге қарсы шығады. Олар өз үйинде Ийемиздиң кешесин өткизиўге ҳәрекет еткен хожалық үстинен күледи ҳәм әкениң Мухаддес Жазыў бойынша муғаллим ҳәм түсиндириўши болыўына байланыслы гүманға ийе. Масихый хожалықтың жедел турмысына деген бундай кери қатнас хожалықты да, жәмәәттиң өзин де ҳәлсиретеди. Топардағы сабақлар Роллерге бөлинип, шынығыў өткизиў: Сизиң қарым-қатнас жасайтуғын топарыңыздағы бир хожалықтың қыйыншылықта жасап атырғанын билесиз. Бул хожалықтағы әке өзиниң руўхый басшы сыпатындағы ўазыйпасын орынламайды ҳәм сол себептен ҳаялы ҳәм балалары ушын қыйыншылық туўдырады. Олардың өз ара қарым-қатнасы бузылған. Егер аўҳал өзгермесе, хожалық ыдыраўы мүмкин. Сиз ҳәм сизиң қарым-қатнас жасайтуғын топарыңыз бул хожалық ушын не ислей аласыз? Топардағы қарым-қатнас аўҳалды қалайынша өзгерте алады? Бүгинги күнде, масихыйлыққа қарсы көплеген күшлер масихый хожалыққа қарсы ҳүжим жасап, оның балаларын өз тәрепине аўдармақшы болады. Арамызда ең ҳәлсиз болғанларға, яғный өз балаларымызға зәрүр болған дыққатты аўдармайтуғынымызды ҳәм керекли таярлық пенен тәмийинлемейтуғынымызды душпан жақсы биледи. Коммунистлер өз ата-анасын сатып берген балаларды бәрқулла марапатлап келген. Бул әсиресе не ислеп атырғанын түсинбейтуғын кишкене балаларға тийисли болған жағдайда, жүдә аўыр мәселе болып табылады. Көплеген қытай хожалықларында ата-аналар өз балаларынан масихый екенин жасырып келген. Себеби олардың сатып бериўинен қорққан! Ал сизиң балаларыңыздың исеними қаншелли күшли? Егер жаслар мәмлекетлик сиясатқа деген қызығыўшылығын көрсетпесе, онда мәмлекет оларға даўам етип билим алыўға жол қоймайды. Абырайлы жәмийетлерде бундай жол көп жасларды өз ата-аналарының дининен ўаз кешиўге мәжбүр етти. Бир Африка мәмлекетинде өз сиясий бағдарламасын беккемлеў ушын ҳүкимет дүзилиси бутқа табыныўшылық дәстүрлерин қайта тиклеўге ҳәрекет етип, жасларды жаўыз руўхларға бағышланған рәсимлерде қатнасыўға мәжбүр етпекте. Егер олар бас тартқан жағдайда, оларды аяўсыз қуўдалай баслайды. Ал егер олар ҳүкиметке бойсынса, онда өзлериниң масихый исенимин ипласлап, оны улыўма жойтып қойыўдан қорқады. Бизиң балаларымыз бундай сынақты көтере ала ма? Ал сиз ше? Айырым еллерде хожалық басшысы диний исенимине өз хожалығының басқа ағзаларын да исениўге мәжбүрлейди. Ал масихый емес күйеў ҳәм әкениң еркине қарсы масихый болған ҳаял ҳәм балалар не қылыў керек? Олар хожалық басшысын ҳүрмет етиўди қалай даўам етип, бирдей ўақыттың өзинде өз исенимине деген садықлығын қалай сақлап қалады? Талқылаў ушын сораўлар: 1. Алғыс қосықлардың бириниң авторы былай деген еди: «Бул дүнья — Қудайға дос емес». Әтираптағы дүнья сизиң хожалығыңызға ҳәм Қудай алдында жүриўиңизге қандай тәсирин жасамақта? 2. Жалған доктриналарға үйрететуғын масихый емес мектеплерде болғанда, масихый хожалықлар өз балаларын қорғай алатуғын ҳәм оларға беккем исенимде қалыўға жәрдем беретуғын усылларды талқылаң. 3. Сизиң топарыңызда топардың жас ағзалары кетип қалған жағдайлар болды ма? Оларды ҳақыйқат жолынан ким шығарды? 4. Сиз қалай ойлайсыз, сизиң қарым-қатнас жасаў топарыңыз өз ағзаларыңыздың хожалығында өз ара қарым-қатнасын беккемлеў ушын не ислей алады? III БӨЛИМ Келиспеўшилик Сегизинши бап Душпанды билиў Гүна ислей беретуғын адам шайтаннан. Өйткени шайтан бастан баслап гүна ислеп киятыр. Сонлықтан Қудайдың Улы шайтанның ислерин жоқ қылыў ушын келди. Юханның 1-хаты 3:8 1998-жылдың жазында, Қытайдың орайлық бөлегинде болған конференцияға үй жәмәәтлериниң басшылары жумыс мәселелерин талқылаў ушын жыйналды. Олар он миллоннан аслам ағзаға ийе болған кишкене диний топарлардың ўәкиллери болып, ең әҳмийетли үш мәселени таңлап алған ҳәм оларды шешиў жолын ислеп шыққан еди. Биринши орында қаралаў мәселеси турған еди. Бир басшыдан кейин екиншиси өз хызметлериниң бир қарағанда елеспесиз усы гүна себепли бийабырай болғанын айтып берди. Хенаннан болған үй жәмәәтиниң басшысы төмендегилерди гүрриң етти: «Мен бизиң хызметкерлеримиз ушын Мухаддес Китапты үйрениў бойынша курс өткизиў мақсетинде бир аймаққа келдим. Мәнзилге жетип келип, мени семинар өтетуғын үйге киргизбегенине ҳайран болдым. Жаўық турған қапы арқалы мен не болғанын сорағанымда, мениң менен ҳеш ким сөйлеспеди. Маған жоқ болыўды мәсләҳәт етти. Қыс болғанлықтан, суўыққа қатып, өлип қалмайын деп от жағып, аз-маз жылыныў ушын қала сыртына шығып кетпекши болып турған едим. Бул туўысқанлардың мени бундай суўық түнге ҳеш нәрсе түсиндирместен қуўып жибергенин ҳеш түсине алмадым. Бирақ бир туўысқанымыз мени аяп, жасырын түрде үйине алып барды. Мен әсте-ақырынлық пенен оннан барлығын билип алдым. Бул аймақтың жәмәәтлери мени айыплап, күшли қатынпараз деп атаған домалақ хат алған екен. Қанша ҳәрекет етсем де, мени тыңлаў ямаса хатты көрсетиўге оларды көндире алмадым. Кейинирек басқа аймақта сол хатты бир туўысқанымыз жазғанын билип алдым. Мен оны бузықшылық ушын жуўапқа тартқан едим. Сол себептен ол меннен өш алыўды шешкен екен. Мен оған барғанымда, ол тәўбе етти. Ол және бир хат жазды. Бирақ биринши хатта оның аты көрсетилмегенликтен, оған исенбеди. Биз сол районға бирге барыўды шештик, бирақ бизлерди тыңлағысы келмеди. Жәмәәттиң гүўалығы жеңилиске ушырады. Ҳәр сапар мен бир жаққа бармақшы болғанымда, усы кеўилсиз ўақыяны еске аламан ҳәм сонда шайтан жеңиске ериседи. Бир күни мен усы тәўбе еткен туўысқанымызды қала сыртына алып шығып, бир шөжени жулыўды тапсырдым. Ол шөжени жула берди ҳәм бизлер жолымызды даўам етип кете бердик ҳәм самал пәрлерди атыз бойлап ушырып жиберди. Ол исин тамамлап, меннен: «Енди не қылыў керек?» — деп сорады. Мен оған: «Енди барлық пәрлерди жыйнап алып, орнына қондырып қой, шөжениң және пәрлери болсын», — деп жуўап бердим. Ол: «Бирақ, бул мүмкин емес-ғо», — деп жуўап берди. Мен оған: «Сениң сөзиң дурыс. Бул мүмкин емес. Сол сыяқлы, маған сениң сөзлериң арқалы жеткизилген зыянның да орнын өтеў мүмкин емес», — дедим. Жәмәәт басшылары көбирек сүйиспеншилик көрсетиўди ҳәм қаралаў гүнасын азайтыў мақсетинде, бир-бири менен жийи-жийи ушырасып турыўды келисти. Масихыйлар биринши гезекте еки патшалықтың, яғный нур Патшалығы ҳәм қараңғылық патшалығының соқлығысыўы себепли азап шегеди. Ҳәр бир урыста душпан болып, жеңис сизиң өз душпаныңызды қаншелли дәрежеде жақсы билетуғыныңызға, оның усылларын ҳәм оның менен гүресте табыслы жолды таңлағаныңызға байланыслы. Мухаддес Китап масихый өмирдеги келиспеўшилик төрт тийкарға ийе екенин үйретеди. Олар: дене ямаса адамның гүнакар тәбияты (Марк 7:20–23 ке қараң), өмирдеги жағдайлар (Юхан 16:33 ке қараң), дүнья (Яқып 4:4; Юхан. 1-х. 2:15–17 ге қараң) ҳәм шайтан (Ефес. 6:10–12; Петр. 1-х. 5:8 ге қараң). Қыйыншылықлар келгенде, келиспеўшилик тийкарын анықлаў ҳәмме ўақытта да аңсат емес. Бизге душпан ҳүжимлери себепли қандай машқалалар пайда болатуғынын түсиниў ушын айырып билиў сыйы керек болады. Өйткени бизге оның нийетлери белгили (Коринф. 2-х. 2:11 ге қараң). Биз қашан урысыўымыз, қашан өз орынларымызда беккем турыўымыз керек екенлигин билиўимиз тийис. БИЗИҢ ДУШПАНЫМЫЗ КИМ? Шайтан Қудайдың ҳәм Оның жәмәәтиниң душпаны. «Шайтан» сөзи еврей ҳәм грек тиллеринде «қарсылас», яғный бизлерге ҳәм Қудайға қарсы туратуғын душпан дегенди аңлатады. Ол Қудай сыяқлы болыў тилеги менен тек ҳақыйқый Қудайға ғана тийисли болған дәрежени ийелеп алыўға ҳәрекет етти. Шайтанның күшли ҳийлелериниң бири — оның өз тәбиятының ҳақыйқый екенлигин гүңгирт қылыўдан ибарат. К. С. Льюис (C. S. Lewis) бул ҳаққында «Ылайсаңның хатлары» деген өз шығармасында жүдә көркем түрде сөз етеди. Егер биз оны адам тәбиятына тийисли тек жаман тәсир деп есапласақ, шайтан қуўанған болар еди. Және де, ол ески адамлардың өзлерине бул дүньядағы жаманлықтың болыўын түсиндирмекши болған қыялый жемиси деп есапласақ та қуўанады. Басқа жақтан қарағанда, шайтан гейбиреўлерди алдай алды ҳәм олар шайтанды Қудайға теңлесе алады ҳәм оны Қудай менен теңликке ийе деп исенди. Бирақ ол Қудайға тең келе алмайды, өйткени оның өзин Қудай жаратқан. Шайтанды гүна ислеген периште сыпатында Михаилдың қарсыласы деп түсиниўге болады. Ол ҳәмме жерде болыў қәсийетине ийе емес ҳәм оның бийлиги менен күши жүдә шекленген. Соның менен бирликте, қандай да бир адам, мәмлекет яки динди өз «душпанымыз» деп есапламаўымыз тийис. Биз жаўыз руўхлардан ҳәм исенбейтуғын наҳақ адамлардан қорғаўды сорап, дуўа етиўимиз керек (Салоника 2-х. 3:2 ге қараң). Және де, биз бул жаман ҳәм наҳақ адамлар бизиң душпанларымыз емес екенлигин есте сақлаўымыз тийис. Олар тек ғайрытәбийғый душпанның, яғный шайтанның тутқынлары ғана. Биз «адамлардың қағыйдаларынан» үстин туратуғын күшлер бар екенин түсиниўимиз зәрүр. Усы күшлер Қудай ҳәм Ол Өз жәмәәти арқалы иске асыратуғын дүньяға байланыслы нийети менен урыс алып барады (Ефес. 6:12 ге қараң). Мухаддес Китап бизиң душпанымыз шайтан ҳаққында көп сөз етеди. Ески Келисимдеги жети китап ҳәм Жаңа Келисим китапларының авторлары ол туўралы айтады яки оның атын атап өтеди. Жаңа Келисимде шайтан туўралы айтылған жигирма тоғыз силтемеде Ийсаның Өзи ол ҳаққында жигирма бес рет сөз етеди. Биз Мухаддес Жазыўда: «Өйткени шайтан бастан баслап гүна ислеп киятыр», — деген сөзлер арқалы Мухаддес Китап усы душпан ҳаққында не дейтуғынын анық билиўимиз тийис (Юхан. 1-х. 3:8). Павел бизлерге шайтан өзлеримизге зыян жеткизетуғын жағдайға жол қоймаўымыз керек екенин жазған еди. Себеби оның жаўыз жобаларынан хабарсыз емеспиз (Коринф. 2-х. 2:11 ге қараң). Шайтанның атлары менен лақапларының дизими оның айырым қәсийетлери менен минезлемесин анықлаўға жәрдем береди. 1. Қозғалаңшы ҳүкимдар • ҳаўада ҳүкимдарлық етиўши ҳәким (Ефес. 2:2); • бул дүньяның ҳәкими (Юхан 14:30); • бул дүньяның ҳәкими (Коринф. 2-х. 4:4); • жинлердиң баслығы (Матта 12:24). 2. Өтирикши • айыплаўшы (Аян 12:9–11); • өтириктиң әкеси (Юхан 8:44); • нур периштеси (ал оның хызметшилери ҳақлық хызметшилери сыяқлы) (Коринф. 2-х. 11:14–15); • азғырыўшы (Салоника. 1-х. 3:5). 3. Адам өлтириўши • ақырған арыслан (Петр. 1-х. 5:8–9); • адам өлтириўши (Юхан 8:44). БИЗИҢ ДУШПАНЫМЫЗДЫҢ ШЫҒЫСЫ Гейде масихыйлар шайтанның қаяқтан келип шыққаны ҳәм Қудайдың оны не ушын жаратқаны ҳаққында сорайды. Мухаддес Китапта Жаратылыс китабының 1-бабында баян етилген дүньяның жаратылыўынан бурын болған ўақыяларды кеңирек сүўретлейтуғын ҳеш нәрсе жоқ. Деген менен, бул дәўир ҳаққында бөлек-бөлек мағлыўматларды қолланыўымызға болады. Шайтан жоқары периштелердиң бири сыпатында жаратылған болса керек. Периштелердиң бир бөлеги менменликке берилип, Қудайға қулақ аспай қойды. Шайтан оннан бетер менменсип, өзин еле де жоқары көтермекши болды (Тимоф. 1-х. 3:6; Петр. 2-х. 2:4; Яҳуда 6 ға қараң). Усының нәтийжесинде ол өзиниң жоқары дәрежесинен айырылып, аспаннан ылақтырылды. Оның Қудайға қарсы қозғалаңына айырым периштелер де қосылды. Олардың мәңгиликтеги тәғдири әлле қашан белгиленип қойылған. Бирақ олар ҳәзирше Қудайдың ҳүкиминиң орынланыўын күтпекте ҳәм Қудайдың жәмәәтин қыйратыў ушын барлық мүмкиншиликлерден пайдаланыў ушын ҳәрекет етпекте. Өз жәмәәтиниң еле де күшлирек болыўы ушын Қудай буған жол қоймақта. Себеби бул тек гүрес себепли ғана иске асады. Бүгинги күнде дүнья шайтанның бийлиги астында. Ол «ҳаўада ҳүкимдарлық еткен ҳәким» (Еф. 2:2), «бул дүньяның ҳәкими» деп аталған (Юхан 14:30; Коринф. 2-х. 4:4). Ол Масихқа дүньядағы барлық патшалықларды басқаратуғынын айтып мақтанғанда, Масих бул сөзлерге қарсы тартысқан жоқ (Лука 4:6 ға қараң). Қудай дүньяны жаратып, оны адам баласына берди (Жарат. 1:3–30 ға қараң). Бирақ адам өз бийлигин шайтанға берип, оған бойсынды (Жарат. 3:1–6 ға қараң). Адамлар ҳәзирге дейин Римлилерге жазылған хатта анық баян етилген қағыйданы түсинбесе керек (6:16). Ол жерде былай делинген: «Бойсынатуғын қуллар сыяқлы, өзлериңизди кимниң бийлигине тапсырып бойсынсаңыз, соның қулы болатуғыныңызды билмейсизлер ме? Сизлер я өлимге жетелеўши гүнаның, я ақланыўға жетелеўши бойсыныўшылықтың қулы боласызлар». Әлбетте, шайтан ең баста ислеп келгениндей, адамларды бәрқулла алдаў ушын өз бийлигинен пайдаланады. Адамлар да бурынғысынша, шайтанға хызмет етиў өзлерине саў, қуўанышлы ҳәм бай өмирди бере алады деп ойлайды. Шайтан тек Қудайға еликлей алады. Бирақ оның өзи ҳеш нәрсе жарата да, дөрете де алмайды. Қудай «дәўлетли» өмир усынады (Юхан 10:10). Ал шайтан тек «ўақытша гүнакар кәйип-сапаны» ғана усына алады (Евр. 11:25). Қудай бизлерди сүйеди ҳәм Ол бизлер ушын Өзин қурбан еткен (Рим. 5:8 ге қараң). Ал шайтан тек жек көриўшилик ҳәм қыйралыў ғана бере алады. Ол еле де Қудайдың жаңа аспан ҳәм жаңа жерди жаратыў жобасына кесент етиўден үмит етеди. Сол жаңа аспан ҳәм жаңа жерге Қудайды өз ерки менен сүйетуғын қутқарылған халық қоныс басады. Биз бул дүньяда қайғы ҳәм мәниссиз қайғы болып көринетуғын нәрселерди көргенимизде, бул дүньяның шайтанға тийисли екенин ҳәм ол бул дүньяны өзине қалай унаса, солайынша басқаратуғынын есте сақлаўымыз тийис (Аян 17:17 ге қараң). Бирақ бизиң Қудайымыз бурынғыдай ўақыяларға араласып, Өзиниң қутқарылған перзентлерин жақлайды. Биз Оның бийлигин шақырсақ, шайтан қашып кетиўге мәжбүр болады (Яқып 4:7 ге қараң). БИЗИҢ ДУШПАНЫМЫЗДЫҢ ИСИ Қудайдың душпаны бола тура, шайтан қалайынша жаўыз қаслыққа толы ислерин иске асыра алады? 1. Қозғалаңшы ҳүкимдар сыяқлы болған шайтан Бириншиден, шайтан тек жалғыз Қудайға ғана тийисли болған бийликти нызамсыз басып алып, Қудайға қарсы шығады. Ол ҳаўада ҳүкимдарлық етиўши ҳәким, бул дүньяның ҳәкими ҳәм жинлердиң баслығы деп аталған. Шайтанның қалай ҳәрекет ететуғынын оның Ийсаны гүна ислеўге мәжбүрлеўге ҳәрекет еткени анық мысал бола алады (Лука 4:1–13 ке қараң). Ол бәрқулла ҳәлсизлик келетуғын ўақытты күтеди. Бундай ҳәлсиз ўақыт қуўдалаўлар болыўы мүмкин. Сонда ол дәрҳал гүнакар қәлеўлерди ўәде етеди. Дәслеп шайтан Ийсаға Өзиниң адамыйлық мүтәжликлерин қанаатландырыў ушын, қудайлық күшин қолланыўын усыныс еткен еди. Кейин ол Ийсаның халықтың көсеми болып қабыл етилиў қәлеўин қанаатландырыўға ҳәрекет етти. Ақырында, ол бәри бир де Ийсаның мийрасы болған пүткил дүньяны Ийсаға усынған еди. Бирақ Ийса оны Қудайдың еркин орынлаў арқалы ийелеп алыўы тийис болды. Шайтан Ийсаның ҳәлсиз жерлерин табыўға ҳәрекет етти, ҳәтте, ол Ийсаны алжастырыўға ҳәрекет қылып, Мухаддес Жазыўдан аятлар келтирди. Шайтанның ҳүжимлерине жуўап бериў ушын, Ийса Қудайдың сөзлерин шеберлик пенен қолланды. 2. Шайтан — өтирикши Шайтанды басқаша анықлаў ушын Мухаддес Китап diabolos, яғный «жалахор» деген сөзди қолланады. Ийса шайтанның өтирикши ҳәм өтириктиң әкеси екенин жүдә жақсы билди (Юхан 8:44 ке қараң). Оның бул минезлемеси бир неше вариантлар арқалы көринеди. Ол Қудайдың сөзлерин бурмалайды Шайтанның Қудайға қарсылық көрсететуғын усылларының бири — Қудайдың сөзин бурмалаўдан ибарат болып табылады. Мысалы: Қудай Адам-ата ҳәм Ҳаўа-енени жаратып, оларға: «Сен бағдағы қәлеген терегиңниң мийўесинен жей аласаң. Бирақ жақсылық ҳәм жаманлықты билиў терегинен жеме, жесең, сөзсиз өлесең», — деп буйырды (Жарат. 2:16–17). Бирақ шайтан Ҳаўа-ене менен сөйлесе баслап, оған былай деген еди: «Ҳақыйқаттан да, Қудай бағдағы ҳеш бир теректиң мийўесинен жемең деди ме?» Ол Қудайдың сөзлерин пүткиллей бурмалап жиберген еди. Сол тәризде, бизлер де Қудайдың сөзлери менен ойнап, дузаққа түсип қалыўымыз мүмкин. Мухаддес Китапта шайтанның нур периштеси пишинин қабыл етиўи мүмкин екени айтылған (Коринф. 2-х. 11:14–15 ке қараң). Ал оның хызметшилери ҳақлықтың хызметшилериниң пишинин қабыл етеди. Ол исениўшилерге жала жаўады Аюптың китабында шайтан Қудайға келип, Оның хызметшисин айыплай баслаған еди. Ал елши Юханның Аян китабында да (12:10) шайтанның жалахор екени айтылып: «Өйткени туўысқанларымыздың айыплаўшысы, оларды Қудайымыздың алдында күни-түни айыплаған шайтан жерге ылақтырылды», — делинген. Солай етип, қуўдалаўлар ўақтында, шайтанның жәмәәтке қарсы көбинесе өтирик айыплаўлар менен ҳүжим қылыўына ҳайран қалыўдың кереги жоқ. Сонда исениўшилер ҳақыйқатқа қулақ асыўдың орнына, бир-бирине қарсы жалған гүўалық бере баслайды. Нәтийжеде исениўшилер арасындағы сүйиспеншилик ҳәм исеним жоқ болып, Масихтың денесиниң бузылыўы себепли жәмәәтте бөлиниў басланады. Бәлким, өмирдиң усы тараўларында ең қайғылы ўақыялар болып өтсе керек. Исениўшилер шайтанның қаслықларын айырып билиўди үйрениўи тийис ҳәм олар ҳәр қандай басым ҳәм ҳүжимлер қорқынышлы болмаған өз ара қарым-қатнасларды дүзиўи тийис. Биз Қытайдағы бир үй жәмәәтиниң ағзаларынан олардың топарына күшли болыўға ҳәм қуўдалаўларға шыдам бериўге не жәрдем бергенин сорағанымызда, олар топар ағзаларын беккем эмоционал байланыслар беккемлегенин айтып берген еди. Ҳақыйқаттан да, олар өзлерин Масихтың денесинде бир деп сезди. Сонлықтан, өтирик айыплаўларға қарамастан, олар күшли болып қалды. 3. Шайтан — адам өлтириўши Мухаддес Китапта шайтанның адам өлтириўши екени сөз етилген (Юхан 8:44 ке қараң). Ол — Қудайға уқсамайды, себеби ол бәрқулла адамды жоқ қылыўға ҳәрекет етеди. Оның Адам ҳәм Ҳаўаны азғырыўдағы табысқа ерисиўи оларды өлимге алып келди. Бурын болғанындай, ол ҳәзир де Ийса Масихты Ийе ҳәм Қутқарыўшы сыпатында таныў ушын ҳәм бул арқалы сөзсиз болатуғын өлимнен қутқарылыўға қарай барыў ушын ҳеш кимге жол ашпаўды бар күши менен қәлейди. Ийса ҳәр түрли топыраққа түскен туқымлар ҳаққында тымсалды айтып бергенде, Ол жол шетине түскен туқым ҳаққында да сөз еткен еди. Қуслар ушып келип, бул туқымды шоқып жеп қойды. Ийемиз бул сөзлер арқалы Қудай Патшалығы ҳаққында хабарды қабыл еткен, бирақ оны түсинбеген адамларды нәзерде тутқан еди. Шайтан усындай адамларға келип, олардың жүреклерине себилгенлерди урлап кетеди (Матта 13:19 ға қараң). Шайтан ақырған арыслан сыяқлы жәмәәтке ашықтан-ашық ҳүжим жасаўы ямаса оны өзиниң наҳақ жансызларының жәрдеминде алдаўы мүмкин. Жаңа Келисим заманында ол жәмәәтке қарсы қорқытыў, қамақ, таяқ, халықтың ғәзебин, ҳәтте, адам өлтириўди қолланған. Бирақ ол тағы жәмәәт ишинде де Яҳуда ҳәм өзлерин Ийсаның изине ерген қылып көрсеткен яҳудий нызамшылары арқалы ҳәрекет етиўге тырысты. Негизинде бундай адамлар Хош Хабарды бурмалаўды қәлейтуғын адамлар еди. Мухаддес Китап бизди шайтан жәмәәтке қарсы ҳүжим жасаў ушын пайдаланатуғын барлық ҳийлели ислерден сақ болыўды ескертеди. Биз бундай жағдайларда не ислеў кереклигимизди билиўимиз тийис. Шайтан адам өлтириўши сыпатында, исениўшилерге Хош Хабар айтыўға ҳәм Масихтың шәкиртлери сыпатында исенимде өсип барыўға кесент ететуғын ҳәр қандай мүмкиншиликтен пайдаланады. Керисинше, Қудай қуўдалаўларды Өз Патшалығына еле де көбирек исениўшилерди алып кириў ушын қолланады. Адамлар исениўшилердиң қуўдалаўларды қалай күтип алып атырғанын көргенде, Масихқа еле де салдамлырақ қатнаста болады. Солай етип, исениўшилер қуўдалаўлар ўақтында Хош Хабар айтыўға қайсы жол пайдалырақ болатуғынын ойлаўы тийис. Жол дәрбентинде турып, ўаз айтыў шәрт емес. Өйткени Хош Хабарды айтыўдың түрлери менен усыллары жеткиликли дәрежеде көп болып, олар ҳаққында ойлап көриў тийис. Негизинде, қамаққа түскен ҳәм сол жерде Масихқа онлаған адамларды алып келген масихыйлар — ең көп жемис беретуғын масихыйлар болып табылады. ЖУЎМАҚ Душпанды билиў жүдә әҳмийетли. Бирақ ҳеш қандай жағдайда да, өз ақылымызды оның күши ҳәм бийлиги ҳаққында ойларға толтырмаўымыз керек. Биз Ийса Масихтан көз үзбеўимиз тийис. Өйткени Оның менен бирге болсақ, бизлер ылайықлы өмирге ийемиз. Өз шәкиртлери Қудайдың күшине ийе болып, адамларға хызмет еткенде, Ийса шайтанның жылдырым сыяқлы аспаннан түскенин көрген еди (Лука 10:17–20 ға қараң). Ийса бизлерге елши Павел ерискен жеңисти ўәде еткен. Павел ол ҳаққында Римдеги жәмәәтке жазған еди (Рим. 8:28 ге қараң). Елши Юхан шайтанның толық жеңилетуғынын айтқан еди (Юхан 1-х. 3:8 ге қараң). Юханның заманында, жәмәәтлер душпанның қолынан азап шексе де, басқалардың жол қойыўы ҳәм бийпәрўалығы себепли наҳақ жасаған адамлар алып келген жалған доктриналар себепли жәмәәт ишинде бөлиниў пайда болса да, шайтан Қудайдың мухаддеслерин жеңе алмады (Аян 3:8–10; 12:10–11; 20:10 ға қараң). Душпан жаўыз ҳәм ҳийлекер. Биз буны тән алыўымыз керек. Бирақ биз жеңимпаз өмирде жасаўымыз тийис. Себеби Мухаддес Китапта былай делинген: «Бирақ Қудайға шүкирлер болсын! Ол бизлерди Ийемиз Ийса Масих арқалы жеңиске еристире береди» (Коринф. 1-х. 15:57 ге қараң). Юхан жазған Хош Хабарды Юджин Петерсон (Eugene Peterson) өзи сөзи менен былай баянлаған еди: «Адамлардың Өмири болған Нур қараңғылықта жарқырап турады ҳәм қараңғылық оны сөндире алмайды». Топардағы сабақлар Талқылаў ушын сораўлар: 1. Гейде адамлар шайтанды тек жаўыз күш сыпатында түсинеди. Оның ҳақыйқый екенине қалай исенсек болады? Не ушын бул әҳмийетке ийе? 2. «Қудай бар ма ҳәм Ол не ушын жер силкиниў (суў тасқыны ҳәм т. .б. апатшылықлар) ўақтында айыпсыз адамлардың өлиўине жол қояды?» — деген сораўға қалай жуўап берсе болады? 3. Жаўызлық қалайынша жақсылық болып көринип, ақырында бизлерди жоқ қылыў ушын алдайды? 4. Биреў: «Шайтан масихыйға зыян тийгизе алмайды», — деген еди. Сиз буған қосыласыз ба? Бул ҳаққында Еврейлерге жазылған хатта не айтылған? (11:32–39) 5. Усы бапта сөз етилген шайтанның усылларының ҳәр бирин талқылаң. Өз әтирапыңызда оның ҳәрекетин көре аласыз ба? Тоғызыншы бап Душпанның шебер жетекшилиги Cақ ҳәм сергек болыңлар. Душпаныңыз шайтан кимди жутсам екен деп, ақырған арысландай болып гезип жүр. Исенимде беккем болып, шайтанға қарсы турыңлар. Себеби дүньяның басқа жерлериндеги туўысқанларыңыздың бирдей азап шегип атырғанынан хабарыңыз бар. Петрдиң 1-хаты 5:8–9 Қытайлы шопан Вань Минь-даоны (Wang Ming-dao) қамаққа алып, оған күшли басым көрсете баслады. Егер ол «ҳүкиметтиң пайдасына ислесе», қамақтан азат етиўди, ҳәтте, ўаз айтыўға рухсат қылыўды ўәде етти. Өзиниң түсиниги бойынша, оны өтирик сөйлеўге мәжбүр еткен еди. Бирақ ол еки жүзли болып жасай алмады. Шопан Вань бул усыныстан шешиўши түрде ўаз кешти. Бирақ кейин ол өзи жүдә жақсы көретуғын ҳаялы Дебраның қамаққа алынғанын ҳәм оның қәўип астында екенин еситти. Ол дурыслы аўқат болмағаны себепли ҳаялының ден саўлығы төменлеп, қатты аўырып қалғанын билди. Ҳаялы өлим төсегинде жатырған еди. Бул хабар шопанды тәсирлендиргени соншелли, ол өзин қуўдалағанлардың шәртин қабыл етип, «жалғанды» жәриялаўға қайыл болды ҳәм мәмлекет қадағалайтуғын жәмәәтте хызмет ете баслады. Ол ҳаялын анасы менен бирге қәўипсиз жерге жиберип, кейин өзин өзи өлтириўди жобаластырған еди. Айтыўларына қарағанда, ол көшеде гүбирленип: «Мен — Петрмен, мен — Петрмен», — деп жүрген ҳәм ақыры жүрек аўырыўға шатылған. Ҳүкимет хызметкерлери шопан Вань менен тил табыса алмайтуғынын түсинип, ол ҳәм оның ҳаялы Дебраны және қамаққа таслады. Ваньның ҳаялын он бес жылға, ал өзин өмирлик қамаққа ҳүким етти. Екинши мүдеттиң ең басында Қудай шопанға Миханың китабындағы аятты ашып берди (7:7–9). Ол бул аятларды жигирма бир жасында-ақ есте сақлап қалған еди: Бирақ мен Жаратқан Ийеге көз тигемен. Қутқарыўшым болған Қудайды үмит пенен күтемен. Сөзсиз еситеди мени Қудайым мениң. Жағдайымды көрип, шад болмаң, ҳәй, душпанларым! Жығылсам да, өзим тураман. Қараңғылықта қалсам да, Жаратқан Ийе маған нур болды. Жаратқан Ийеге қарсы гүна иследим. Енди Оның ғәзебине шыдайман. Бирақ Ол мени жақлап, ақлайды. Жарықлыққа мени алып шығады. Сонда Оның әдиллигин көремен. Ендигиден былай, Вань Минь-дао өзи ушын да, ҳаялы ушын да қорқпады. 1980-жылы оны сексен жасында, ҳәлсиз, дерлик соқыр ҳәм пүткиллей герең ҳалында азат қылды. Ол қамақта жигирма үш жыл даўамында хызмет етти. Ал оның ҳаялы Дебраны ден саўлығына байланыслы үш жыл бурын азат еткен еди. Қалған он бир жыл даўамында ол қытай жәмәәти ушын да, ҳаялы Дебра менен өз үйинде қабыл еткен көплеген қонақлар ушын да үлкен қоллап-қуўатлаў ҳәм жигер болды. ШАЙТАННЫҢ УСЫЛЛАРЫ Әпиўайы урыста қәбилетли адамлар жеңилисти жеңиске айландырыўы ҳәм усы арқалы урыста жеңип шығыўы мүмкин. Бул тақырып Мухаддес Жазыўда жийи-жийи қайталанып, ол Хош Хабарда орайлық тақырып сыпатында сөз етиледи: өмир өлим үстинен жеңиске еристи (Коринф. 1-х. 15:54–56; Евр. 12:14–15 ке қараң). Қуўдаланған жәмәәттиң масихыйларына Ийемиз алдында ҳеш қашан тайсалмайтуғын батырлар сыпатында қарамаў керек. Мухаддес Жазыў адам тәбиятын дурыс көрсетип береди. Урыстың қалдығын жасалма жол менен енгизиў мүмкин емес. Биз өзимиздиң адамыйлық жақтан шекленгенимизди ҳәм қутқарылыўымыз ушын уллы баҳа төленгенин есте сақлаўымыз ушын, ҳәтте, аспанда да Ийса Өзи шеккен азапларының белгисине ийе. Биз гүна ислеўимиз ҳәм қәте қылып қойыўымыз мүмкин. Бирақ бизиң қәтелеримиз өзимизди ҳүким етиўге емес, ал тәўбе етиў арқалы Ийемизден еле де көбирек ғәрезли болып, жаңаланып барыўға алып келиўи тийис. Алдынғы бапларда, биз шайтанның кәрамат ҳәм кәраматлы нышанлар ислей алатуғын күшке ийе екенин айтқан едик (Салоника 2-х. 2:9 ға қараң). Бирақ оның барлық күши Қудайға ҳәм Оның жәмәәтине қарсы қаратылған. Сонлықтан Мухаддес Китап бизиң урысымыз жердеги ҳүкимдарларға қарсы емес екенлигин айтады. Солай болса да, шайтан гейде оларды жәмәәтке қарсы ислетиўи мүмкин. Биз руўхый күшлерге қарсы урысамыз (Ефес. 6:11–12 ге қараң). Шайтанның бизлерди гүна ислеўге мәжбүрлеўи бизлерди ҳеш қашан да өз ислеримиз ушын жуўапкершиликтен азат қыла алмайды. Биз өзимиздиң гүнаға деген бейимлигимиз ушын Қудай алдында жуўапкершиликке ийемиз. Бирақ биз душпанның өзимизди гүнаға ийтермелеўге тырысыўда пайдаланатуғын усылын да билиўимиз керек. Гейде гүна себепли келетуғын зыян тек гүна ислеген адамға ғана тийеди. Бирақ бир адамлардың гүналарының көплеген бөлеги екинши адамларға көбирек тәсир жасайды. Мысалы: шайтан адамлардың бир топарында олардың екинши топарына деген расалық жек көриўшилик оятады. Ал айырым масихыйлар усы қорқынышлы гүнаға шерик болады. Шайтан урысыў кейпиятына ийе масихый топарларды басқа масихыйларға қарсы туўрыдан-туўры зорлық, жаўызлық ҳәм қорқыныш туўдырыўға ийтермелейди. Ҳәтте, ол масихыйларды өзи тәсир көрсете алмайтуғын адамлардан ҳәм оларды исенимде беккемлей алатуғын адамлардан айырып қойыўға ҳәрекет етеди. Басқа тәрептен қарағанда, ол бурын өз ара қарым-қатнас жасаған исениўшилер арасында келиспеўшилик ҳәм алаўызлықты пайда етеди. Төменде шайтан бизиң күнлеримизде ҳәм бизиң жағдайымызда қолланатуғын базы усыллар атап өтилген. ДУШПАННЫҢ СЫРТҚЫ УСЫЛЫ Бир сиясий дүзилисти басқарыўшы басқа дүзилиске қарағанда «шайтанға көбирек тийисли» деп ойлаўға болмайды. Ҳәр бир тоталитарлық тәртип масихыйларды ҳәм жәмәәтти қадағалаў негизи тийкарында басқарады. Сол тәризде, ойсызлықты ҳәр бир тоталитарлық тәртиптиң айрықша белгиси деп атаўға болады. 1. Бөлеклеў ҳәм алаўызлық Душпанның жақсы көретуғын усылы, яғный ол масихый гүўалықты үзил-кесил тоқтатып таслаўда қолланатуғын усыл — бул жәмийеттен ғайратлы ҳәм садық масихыйларды бөлеклеп таслаў болып табылады. Шайтан исениўшиге ол тәсир жасай алатуғын адамлар ҳәм өзин исенимде беккемлей алатуғынлар менен байланыс жасаўға кесент жасаўға ҳәрекет етеди. Көп исениўшилерге бундай қорқынышлы усылға қарсы гүресиў қыйын. Гейде шайтан ҳүкиметти дәслеп исениўшилердиң халық алдындағы жыйналысларына, ал кейин жәмәәт жетекшилерине басым жасаўға шақырады. Сол жетекшилер я өлтириледи, я алыс аймақларға көширип жибериледи. Соның менен биргеликте, үгит-нәсият машинасы да иске түседи. Ҳәлсиз исениўшилер өз досларының қаяққа жоқ болып кеткенин ямаса елшилердиң ҳәммеси бирден қаяққа кеткенин түсине алмай қалады. Оларға елшилердиң тосаттан кетип қалыўына ҳәм масихыйлардың тарқалыўына ҳүкиметтиң басымы себепши болғанын ҳеш ким түсиндирип бермейди. Егер исениўшилер қорққанынан басқа масихыйлар менен қарым-қатнас жасағанын тоқтатса, онда шайтан жеңиске еристи деп есаплаўға болады. Масихыйлар қарым-қатнас жасаўдан ҳәм шәкиртликтен руўхый алыслап кетсе, узақ даўам еткен гүресте аман қалыўы мүмкин емес. Егер исениўшилер физикалық бөлеклениўди бастан кеширген болса, онда олар Масих пенен еле де тереңирек руўхый қарым-қатнас жасаўы керек болады. Бул басқа масихыйларды табыўға деген күшли умтылыс пенен биргеликте алып барылыўы тийис. Бир әпиўайы сөз, даўыс шығармай айтылған бир бәнт қосық яки тосаттан көзге тасланған масихый тымсал басқа «жасырын» масихыйлар менен қарым-қатнас жасаўға алып келиўи мүмкин. Базы жағдайларда исениўшилер ҳеш болмаса өз хожалығы менен масихый қарым-қатнас жасай алыўы мүмкин. Бул жалғыз қоллап-қуўатлаў болып, олар бәри бир де басқа қарым-қатнасларды излеўи зәрүр. Мүмкин, бөлеклениў тоқтаўы ушын, биреўди Ийса Масихты билиўге ҳәм қутқарылыў алыўға әкелиў керек болар. Биз бундай ислердиң көп рет болғанын көрдик. Ондай ўақытта исениўшилер Ийемиз бенен қарым-қатнас жасаўды сақлап қалыў бойынша беккем қарар қабыл еткен еди. Душпан жақсы көретуғын басқа усыл — келиспеўшилик жағдайларын жаратыў ҳәм қарым-қатнаста болған исениўшилерди бир-биринен айырыў болып табылады. Бундай келиспеўшилик сыйыныўдың түрлери бойынша ҳәр түрли көз қараслар, жәмәәттеги исениўшилерди басқарыўға таласыў ҳәм жеке жәнжеллер себепли келип шығыўы мүмкин. Жәмәәт өз ағзаларының руўхый бирликте ҳәм тынышлықта жасаўына дыққат аўдарыўы тийис (Ефес. 4:3 ке қараң). Бул ушын басқа адамлардың мәплерин өз мәплеримизден үстин қойыўымыз керек (Марк 9:35 ке қараң). Шайтан менен алып баратуғын гүресимизде бизиң күшимиз усыннан ибарат. Басқа диний топарлар менен туўрыдан-туўры ҳәм агрессив келиспеўшиликлер бизиң күнимизде кең тарқалып баратырған қубылысқа айланбақта. Индонезияда мусылман экстремистлери ғыжжақ берген қутырысқан топарлар жийи-жийи масихыйларға ҳүжим жасайды. Ал Ҳиндистанда ғәзепли индуслар тез-тез зорлық ислеп, ҳәтте, адам өлтириўден де қайтпайды. Шри Ланкадағы негизинде гүресиўши емес буддистлер арасында эсктремистлер болып, олар Хош Хабаршы жәмәәтлерди қыйратады. Туўрыдан-туўры ҳәм жаўыз зорлықлы ислер масихыйларға қарсы бағдарланғанда, исениўшилер өзлериниң Мухаддес Руўх пенен болған қарым-қатнасынан толық ғәрезли болады. Масихыйлардың Мухаддес Руўхтың жәрдеминде кәраматлы түрде қутқарылғаны ҳаққында да, зорлық нәтийжесинде азапланып өлтирилгени ҳаққында да көплеген гүўалықлар бар. Деген менен, бул жерде орташа нәрсе жоқ болып, не болса да, Масих даңққа ерискенликтен, Қудай Патшалығына қарай ҳәрекетти тоқтатып болмайды. 2. Миллет айырыў Шайтан ҳүкимдарлардың масихыйларды бурынғы миллий дин түрлерине қайтыўға мәжбүр етиўге үгитлейди. Яғный, олар өз ата-бабасының бутларына қайтыўы, ҳәммеси ўатансүйерлик яки «дурыс түсинилген» миллетшилик ушын болыўы тийис. Аймақлық ямаса миллий динлер болған индуизм ҳәм синтоизмниң тәрепдарлары дин қандай да бир белгили аймаққа яки халыққа байланған болыўы тийис деп тастыйықлайды. Айырым ҳиндлер ҳәм непаллылар өз ўатанын Ҳиндистан, яғный Ҳинд дәрьясы ойпатлығы деп санағанлықтан, индуизмнен басқа, барлық динлерди өз халықларына жат, империалистлик мәниске ийе деп биледи. Ким де ким мәмлекетлик емес динге исенсе, ол мәмлекетлик жәрдемнен айырылады. Монғол қәўипсизлик комитети бир ўақытлары масихыйлықты «шет ел дини» деп есаплады, ал олардың заманагөй нызамлары оны «монғол дәстүрлерине қарсы» деп тастыйықлайды. Мексикадағы Чьяпа атлы қубла штаттағы қалалардың бириниң ҳәкими масихыйлардың қуўдаланыўын ақламақшы болып, «олардың исеними бизиң мәдениятымызға ҳәм үрп-әдетлеримизге қайшы келеди» деген еди. Жергиликли бутқа табыныўшы қәўимниң исинде қатнасыўдан бас тартқаны ушын онлаған масихыйлар өз үйлериниң қуўып шығарылды. Свазиленд аймақларының бириниң көсеми ҳәр жылы өткизилетуғын белгили рәсимде қатнасыўдан бас тартқаны ушын, масихыйларға бир сыйырдың қунын қурайтуғын жәрийма төлеўди буйырды. Ол декабрь айында өткизиў үрдиске айланған, дәслепки өнимлер байрамындағы дәстүрий аяқ ойында қатнасыўдан бас тартқан, қолы астындағы барлық адамлардың дизимин алғанын билдирди. Жәрийма салынған адамлар арасында бир шопан да болып, оны өз ўазында свази мәдениятына қарсы шықты деп айыплады. Масихый ата-аналар өз қызларының дәстүрий аяқ ойында қатнасыўына рухсат етпейтуғынын билдирди. Себеби бул аяқ ойында қызлар сан ҳәм бөкселерин жиңишке таўар менен жаўып, ал көкиреклерин жалаңашлап шығатуғын еди. Масихый жәмәәттен болған жас жигитлер де дәслепки өнимлер байрамында қатнаспаўды шешти. Өйткени онда қуры қол менен қара өгизди өлтириўге туўра келетуғын еди. Жәмәәт жетекшилери бундай ҳәрекетлерди масихыйлардың әдеп-икрамлыққа байланыслы түсинигине қайшы келеди деп есаплайды. Шопанлар көсем салған жәрийма бойынша судқа шағым арза жазатуғынын билдирди. Динди халық пенен, халықты дин менен теңлестириў — шайтанның жақсы көретуғын усылы. Масихыйлар бундай дузақтан қалай болмасын аўлақ болыўы тийис. Олай болмаса, олар «енди яҳудий де, басқа миллет адамы да» болмаған Масихтың денесиниң өсиўин қопаллық пенен бузады (Галат. 3:28). 3. Дүньялық адамгершилик Шайтан дүньялық адамгершилик деп аталған адамгершиликтиң өсиўи менен раўажланыўын басқарған еди. Онда адамның даналығы Қудайдың аянларынан үстин қойылады. Сиясат, билим ҳәм халықаралық бизнес тараўындағы көплеген дүньяжүзлик жетекшилер бул жалғанды қабыл етти ҳәм сол себептен масихый исениўшилердиң үстинен күлип, мазақ қылды. Батыста шайтан Мухаддес Китапты ҳәм масихый динин бийабырай қылыў ушын өзинде болған барлық мүмкиншиликлерден пайдаланыўды даўам етпекте. Бул әсиресе академикалық орталықлар менен ғалаба хабар қураллары арқалы исленбекте. Дүньяжүзлик адамгершиликтиң күши масихый дининиң әҳмийетин шетке шығарыў ҳәм пәслетиў ушын күшли қарарға ийе. Олар президентке талабан адамға жалған сөйлеўге жол қойса да, оған халық алдында өз исеними ҳаққында айтыўға жол қоймайды. Душпан былай деп ескертеди: өз исеними ҳаққында айтқан адам өзин қәўип астына қояды. Масихыйлықты жоқ қылыўға ҳәрекет етиўши қараңғылық күшлери тек бир нәрсени ғана қәлейди: Масихтың сүйиспеншилиги өзи ҳаққында айтыўға да батына алмаўы керек. Бүгинги күнде, исениўшилер жәмәәтиниң әдеп-икрамлық қағыйдалары беккем болғаны себепли, бизиң жәмийетимиз, әсиресе ҒХҚ (ғалаба хабар қураллары) оған қарсы күшли ҳүжимлерди алып барады. Қудайды дүньядан алыста деп айыплап, Оны полицияшы деп атайды ҳәм жәмийет улыўма Қудайға дыққат аўдармаўға тырысады. Джон Александер (John Alexander) өзиниң бул дүньяның басымы ҳаққында жазған китабында (The Secular Squeeze) жәмәәттен бөлеклениў адамларға бослық ҳәм дүньяның ҳеш нәрсеге турмайтуғынын сиңдиретуғынын тастыйықлайды. Биреўдиң айтқанындай: «Егер өлиўге турарлы нәрсе болмаса, онда жасаў ушын да турарлы нәрсе бар ма екен?» Биз қаҳарманлық ислерди ислеўди қолайлыққа ҳәм «заманагөй қолайлықларға» умтылыў менен аўмастырдық. Бул кондиционерге ийе болып, ҳаўаны өлимниң жолдасы болған бузылыўдың ийисинен тазалаўға ҳәрекет еткен адамлар сыяқлы. Қудай әдалатлы ҳәм ҳақ. Ийемизден қорқыў — пүткил даналықтың басы. Ҳәмме нәрсени билиўши, ҳәмме нәрсеге қүдиретли ҳәм ҳәмме жерде болыўшы Қудай — жарылқаў болып табылады. Қудай — жарылқаў, себеби Ол бизиң өмиримизге кириў ҳәм өз-өзимизди қыйратыўдан азат қылатуғын қәбилет бере алатуғын теңи-тайы жоқ күшке ийе. 4. Диний маўасаның болмаўы Шайтан өзиниң Ийса Масихтың жәмәәтине қарсы урысында ең қорқынышлы усыллардың бирин, яғный бир-бири менен тил табыса алмайтуғын диний топарларды қолланады. Елшилердиң ислери китабында биринши гезекте диний топарлардың дәслепки жәмәәтлерге Хош Хабар тарқатыўда қарсылық көрсеткенин биз қайта-қайта көремиз. Бирақ биз бул топарларға ҳеш қашан да душпанларға қарағандай қарамаўымыз тийис. Биз өзимиздиң ҳақыйқый душпанымыздың ким екенин билемиз. Дүньяның айырым бөлеклериндеги индуистлер, буддистлер ҳәм мусылманлар арасында болған эстремистлердиң кишкене пайызы аламанға масихыйларға қарсы зорлық көрсетиўге ҳәм оларды ҳәр түрли жоллар жәрдеминде қуўдалаўға ғыжжақ береди. Бизиң оларға деген қатнасымыз өзгериссиз қалыўы керек: биз барлық адамларды шын жүректен сүйемиз. Шайтан өзи жақсы көретуғын усылын дүньядағы барлық динлерде ислетеди. Олардың ҳәр биринде ҳақыйқаттың қыйқымы болса да бар. Бул усыл жалған ҳәм өтирикти жақлаўға тийкарланған. Динди қабыл етиўди қадаған қылыў Масихый емес динлер өз тәрепдарларына масихыйлыққа өтиўди қадаған етеди. Непалда Масихқа келгени ҳәм Хош Хабарды айтқаны ушын адамларды қамаққа салады. Ал исламда бул «басқа динге өтиў» өлим менен жазаланады. Сол тәризде, Ийғаға ериўди шешкени мәлим болған мусылманлар өз азатлығын ҳәм өмирин қәўип астына қояды. Рәсмий белгиленген жерлерде сыйыныў Қатал сиясий тәртипке ийе еллерде (мысалы: Сауд Арабстаны) ҳәр қандай сыйыныў тек рәсмий белгиленген жерлерде рухсат етилген. Сонлықтан үйинде сыйынатуғын адамлар қуўдаланып, жазаға тартылады. Қорқытыў Иран сыяқлы еллерде Қудайға хызмет етиў ана тилинде алып барылыўы тийис. Шопанлар, ақсақаллар ҳәм жәмәәт ағзаларын сыйыныўды қалай өткизгени бойынша бәрқулла тергеп барады. Тегерандағы бир жәмәәтте, адамлар ҳәр күни тергеўге шақырылатуғыны туўралы айтып берген еди. Экономикалық басым Масихыйларға деген қаслық қатнасқа ийе еллерде, масихыйларға ылайықлы жумыс табыў қыйын. Егер олар өзлерине унайтуғын жумыста ислесе де, бирақ олардың исениўши екени мәлим болып қалса, оларды я жумыстан шығарып жибереди, я лаўазымын төменлетеди. Ал базы еллерде масихыйлар өзлериниң Ийса Масихқа деген исеними ҳаққында аўыз ашпаса ғана, жақсы жумысын ҳәм өзлерине деген жақсы қарым-қатнасты сақлап қала алады. Азап шегиўшилик Исенимди ҳәр түрли жоллар менен қадағалаў нәтийже бермегени де сийрек емес. Сондай ўақытта экстремистлер масихый жетекшиниң табысқа ерискенине ғәзепленип, оны өлтириўди шешеди. Бундай жағдайда, масихый азап шегиўши болып, ўақтынан бурын аспанға барады. Ал оның жесири ҳәм балалары жерде қыйыншылық ҳәм қайғы ишинде қалады. Прозелитизм (өз динине киргизиў) Масихый емес елшилер әдетте тек аты масихый болған адамларды өз динине аўдырыў ушын ҳәр қандай мүмкиншиликтен пайдаланады. Тилекке қарсы, бул жийи-жийи ушырасады. Мысалы: Мысырда. Буған неке, ақша, жумыс, жәмийетлик жағдай ҳәм көплеген басқа нәрселер дузақ бола алады. Хардини Индонезиядағы садық мусылман хожалығында туўылды. Хожалыққа ҳәр күни мешитке барыў ҳәм намаз оқыў тән нәрсе еди. Әкеси хожалықта қатал қағыйдаларды орнатқан болып, оларды ҳәмме орынлаўы тийис еди. Бундай қағыйдаларға масихыйлар менен қарым-қатнас жасаў да жатқан. Исламға деген садықлығына қарамастан, Хардининиң жүрегинде аўыр жүк бар еди. Ол жүрек тынышлығына ийе болыўды қәлейтуғын еди. Күнлердиң биринде, бул қыз бир масихый жигит пенен танысып, оның менен дос болып қалды. Бул масихыйдан үлкен қуўаныш ҳәм тынышлық сезимлери таралып тур еди. Хардиниде батыллық пайда болып, ол өз достысына руўхый шөллеп жүргени ҳаққында айтып, достысы менен бөлисти. Достысы оған Ийсаның аты менен дуўа етиўди усыныс етти. Сол ўақыттан баслап, қыздың өмири пүткиллей өзгерип кетти. Оның жүреги тынышлыққа толды. Үй-иши қыздың масихый болғанынан хабар тапқанда, таза исениминен қайтыўды айтып, оны узақ үгитледи. Қыз исениминен қайтпады. Ақыры қыздың ата-анасы өзлери ушын аўыр шешим қабыл етип, оған үйден кетиўди буйырды. Олар қыздан ўаз кешти. 5. Идеология (коммунизм) Ҳәзирге дейин ҳүкимет басында коммунистлер турған еллерде масихыйларға қандай қатнаста болатуғынын таллап шығыў қызық. Коммунистлердиң доктринасы пүткил XX әсир даўамында көп адамлар тәрепинен ҳақыйқат деп қабыл етилгенликтен, коммунистлер басқарып турды. Әдетте коммунистлер төрт усылды қолланады: Нейтрализация Ленин масихыйлар менен урыспақшы емес еди. Ол масихый динин коммунистлик жәмийетте өз-өзинен «өлип қалады» деп шамалаған еди. Бирақ бул жүз бермегенде, ол масихыйлықты жоқ қылыўға ҳәрекет етти. Айырым масихыйлар тәртипке қарсылық көрсете баслады ҳәм нәтийжеде қамаққа түсти ямаса өлтирилди. Ал басқалар Масихтан ўаз кешип, ҳүкиметке бойсынды. Үшиншилер болса, елден қашып кетти яки қашыўға ҳәрекет еткен ўақтында набыт болды. Бирақ көп санлы исениўшилер қаслық аўҳалда жасаўға үйренди. Коммунистлердиң усыллары менен таныс болған масихыйлар жасаўға таяр болып шықты. Әдетте масихыйларды коммунистлер тәртиби менен тынышлықта жасағанын айтып, алдап келди. Буннан соң, жәмәәтти мектеплер, емлеўханалар, жетимлер үйи ҳәм жәмийетлик бағдарламалардан айырды. Шет ел менен болған барлық байланыслар қаталлық пенен шекленип, ҳәр қандай жәрдемди алыў қадаған етилди. Шет еллик жәрдемнен ғәрезли болған диний шөлкемлер өз ҳәрекетин тоқтатты. Тек Масихтың денесиниң ағзалары сыпатында ҳәрекет етиўди билетуғын масихыйлар ғана руўхый гүлленип барды. Арадан ўақыт өте берди. Ал қуўдалаўлар кем-кемнен ашық ҳәм жаўыз болып бара берди. Гейбир масихыйлар қатал экономикалық басымға ушырады. Оларды жумыстан қуўып жиберген ямаса лаўазымда төменлеткен. Исениўшилердиң қарым-қатнас жасаўы қадаған етилген. Елге белгили ўаз айтыўшылардың да келиўи қадаған етилген. Әсиресе жәмәәт жетекшилерине күшли басым жасалған ҳәм ҳәлсиз масихыйлар жәрдемсиз қалған. Қуўдалаўлар масихыйлар ушын әдеттеги ис болып қалған. Мухаддес Китап сийрек ушырасатуғын китапқа айланды. Барлық баспаханалар ҳүкиметтиң қатал қадағалаўы астында болып, Мухаддес Китапты ямаса масихый әдебиятты баспадан шығарыў пүткиллей мүмкин емес еди. Кейин ҳүкимет өзине унамайтуғын әдебиятты мәжбүрий түрде алыў менен шуғылланды. Ҳүжимлердиң баслы мақсети және Мухаддес Китап болды. Тез арада Мухаддес Жазыўдың нусқалары дерлик қалмады. Буннан кейин, жәмәәтке ең күшли соққы берилди. Сол ўақытқа келип, жәмәәт имаратларының көпшилик бөлеги қолланылмады ҳәм мәмлекет оларды «халықтың бийлигине» тапсырды. Базы еллерде үгит-нәсият мақсетинде тек бир неше жәмәәтти ғана қалдырды. Мысалы: Лаоста имаратларды мәжбүрий түрде алғанда, мәмлекет хызметкерлери жәмәәт жазыўларын алып қойып, жәмәәт ағзаларының дизимин «реакционерлерди» анықлаў ушын қолланды. Айырым исениўшилерди қуўдалаў күшейди. Балаларға масихыйлыққа қарсы доктриналар сиңдирилди. Масихыйларға ең әпиўайы ислер тапсырылды. Олардың азық-аўқат карточкалары бойынша пайы қысқартылды. Сиз бундай жағдайда масихый болып қала алған болар ма едиңиз? Таң қаларлығы сонда, қуўдалаўларға қарамастан, миллионлаған масихыйлар өз Ийесине Россияда, Румынияда, Венгрияда, Қытайда, Вьетнамда, Эфиопияда ҳәм дүньяның басқа еллеринде садық болып қалды! Қорқытыўлар Тоталитарлық тәртип ҳәр қандай адамды жазалар менен, жаўызлық ҳәм зорлық пенен қорқытыўға болады деген исенимге тийкарланады. Диктаторлар еле де күдиретлирек болған Қудайдың күши олардың Қудайдың балаларына қарсы айтылған қорқынышларының иске асыўына жол қоймайды. Ески Келисимде биз қүдиретли Ассирия патшасы ҳаққында оқыймыз. Ол Қудайдың халқына былай деген еди: «Исенген Қудайың сени алдамасын. Ассирия патшаларының барлық еллерди жер менен жексен етип, нелер ислегенин еситкен шығарсаң. Енди сен қутылып қалмақшымысаң? Ата-бабаларым ўайран еткен халықлардың қудайлары оларды қутқара алды ма?» Бирақ еврейлер өз Қудайына жалбарынғанда, Қудай душпанның қүдиретли армиясын қыйратып таслады. (Ийшая 37:10–12 ге қараң). Әлбетте, биз реалист болыўымыз ҳәм гейде Қудайдың Өз избасарларына қарсы жаман адамлардың жаманлық ислеўине жол қоятуғынын түсиниўимиз керек. Патша өзиниң қолы астындағы пуқаралардан алтын мүсинге табыныўды талап етип, буған бойсынбағанларды өлим жазасы күтип турғанын ескерткенде, Даниел ҳәм оның үш достысы өзлерин дурыс тутты ҳәм олар былай деген еди: «Бизлер сыйынатуғын Қудай бизлерди от жанып турған пештен де, сизиң қолыңыздан да қутқара алады. Бирақ егер Ол бизлерди қутқармаған жағдайда, тақсыр, мынаны билип қойың: бизлер ҳеш қашан қудайларыңызға сыйынбаймыз, сиз орнатқан алтын мүсинге де табынбаймыз» (Дан. 3:17–18). Бундай қатнасты елши Юхан жазған Аян китабында да ушыратамыз (12:11). Ол жерде айтылыўынша, жаманлықты тек өз өмирлерин өлимге қыятуғын исениўшилер ғана жеңе алатуғыны туўралы сөз етилген. Қытайда Чен ханымның улы Питерди қызыл әскерлер өлимши қылып сабаған еди. Өйткени ол өзи исенетуғын Масихтан ўаз кешпеген еди. Ҳүкимет дүньяжүзлик жәмийетшиликтиң наразылығын туўдырмаў ушын тез-тез жасырын қорқытыўларды қолланады. Мысалы: Мухаддес Китапты қадаған етилген китап деп жәрияламайды, ал оны тек «реакцияшыл» деп атайды. Қайта оқыў Қайта оқыў Қытайда, Вьетнамда, Лаоста ҳәм Арқа Кореяда кең тарқалған болып, ол «ой-пикирлери дурыс болмаған» адамлардың ой-пикирлерин өзгертиўге қаратылған. Әдетте бундай қайта оқыў өзин өзи баҳалаў ҳәм өзин өзи сынға алыўдан басланады. Тән алынған масихый жетекшилер күшли билим беретуғын лагерьлерге жибериледи. Көпшилик халық жергиликли «өзин өзи сынға алатуғын топарларға» қатнаўға мәжбүр. Ол жерде олар өзлери ҳәм өз ис-ҳәрекетлери ҳаққында саатлап жаман ойларға бериледи. Әскерий психологлар күшли руўхый исенимге ийе адамның бундай сабақларға қарсы иммунитетке ийе болатуғынын байқады. Қытайда бундай қайта оқыў ҳеш қандай нәтийже алып келмеди. Ақырында, ҳүкимет бул иске қол былғады! Лаоста коммунистлер ҳүкимети орнағанда, басқарыўшы шопан, ҳәзирет Салиди (Sali) үш жыл «қайта оқыў» ушын дүзетиўши лагерьге жиберди. Азат болғаннан соң, ол бул ўақытты тәжирийбе университети деп атады. Лагерьде үш жыл даўамында болғанда, ол бес адамды Масихқа әкелди. Оның Мухаддес Китабы жоқ еди. Сонлықтан ол исенимге жаңа келгенлерди өзи ядта сақлап қалған аятлар жәрдеминде тәрбиялады. Кейин ала бул адамлар жәмәәт жеткешилери болды. Жалған айыплаўлар Бурынғы Советлер Аўқамында мәмлекетлик хызметкерлер атақлы шопан Георгий Винсти салық төлеўден бас тартқанлықта айыплады. Ҳүкимет усындай айыплаўларды тез-тез қолланады. Себеби ғалаба халық басшы хызметкерлердиң өзлерине исенип тапсырылған ақшаларға қылаплылық қылатуғынына аңсат исенеди. Және де, ҳүкимет ҳеш нәрсе «ислеп шығармағаны» ушын шопанларды «ҳарам тамақлар» деп атаўды унатады. Олар руўхый үлес ҳаққында тил қатпайды ҳәм бул да масихыйларға қарсы және бир ҳүжим болып табылады. Вьетнамдағы руўхый семинарияның талабалары ислеп шығарыўшы мийнетте қатнасыў бойынша ҳүкиметтиң талабына жуўап бериўге ҳәрекет етип, жумыстан бос ўақытта оқыўға келисим бергенде, ҳүкимет дәрҳал-ақ ислеп шығарыў көлемин көбейткенликтен, оқыўға ҳеш қандай ўақыт та қалмады. Душпанның топылысларына қарсы тура алыў ушын, масихый бәрқулла жоқары дәрежеде жедел ҳәм ҳадал болыўы керек. 6.Басым көрсетиўдиң заманагөй түрлери Бүгинги күнде, пүткил дүнья жүзи бойлап, масихыйлар душпан тәрепинен өзлерине қарсы қадағалаўдың жаңа ҳәм көбинесе онша билинбейтуғын усылларын сезип атыр. Усы усыллардың бири — экономикалық басым болып табылады. Мысалы: Перу сыяқлы еллерде Мухаддес Китаптың ҳәм масихый әдебияттың сырт елден алып келинетуғын нусқаларынан басқа әдебиятқа қарағанда көбирек жоқары салық өндириледи. Басқа әдебиятларға бөтен динлерге бағышланған китаплар да жатады. Бул — Ийса Масихтың жәмәәтине қарсы және бир тактикалық соққы. Айырым ҳүкиметлер жәмәәтлердиң басқа еллерден гуманитар жәрдем алыўын қыйынластырыў ушын барлық мүмкиншиликтен пайдаланады. Мысалы: мәмлекетлик шөлкемлердиң Бангладеш ушын қаржылай жәрдем алыўы қадаған етилген. Усындай усыллар менен мәмлекет елде масихыйлықтың өсиўин тоқтатыўға ҳәрекет етеди. Буннан тысқары, қаржылай жәрдем бере алатуғын шет елли елшилер ушын визаларды создырыў ҳәм жаңалаў бойынша ҳәр рет жаңа шеклеўлер киргизиледи. Усы себепке байланыслы, олардың елге келиўи үзликсиз азайып бармақта. Индонезияда орнатылған нызамларға сай, масихыйлар өз динине исене алады. Бирақ саны жағынан масихыйлардан көп болған ҳәм тәсир жасаўшы дәрежелерди ийелеўши мусылманларға деген үстин қарым-қатнас масихыйлықты тарқатыўға шеклеў жасайды. Ҳүкимет масихыйлардың өмирин қыйынластыратуғын жаңа нызамлар киргизеди. Солай етип, нызам бойынша ҳүкиметтиң рухсатысыз жәмәәт ушын жаңа имарат қурыўға болмайды. Бирақ рухсат алыў жүдә қыйын болғанлықтан, көп имаратлар рухсатсыз қурылмақта. Кейин бундай «рәсмий емес» жәмәәт имаратлары жергиликли ҳүкимет ҳәм аймақта масихыйлардың болмаўын ҳәм олардың тәсир жасамаўын гөзлеген мусылман экстремистлери ушын жеңил олжаға айланады. Қытайда бурынғысынша Мухаддес Китаптың нусқалары жүдә аз. Бирақ мәмлекет масихыйлардың сыйыныўын қаралаўшы әдебиятты көп санда басып шығарады. Соның менен биргеликте басқа динлер ҳаққында китаплар мәмлекетлик дүкәнларда көп нусқада сатылмақта. ҚУЎДАЛАЎЛАР БАРЫСЫ Доктор Джим Каннингэмниң (James Cunningham) шамалаўынша, масихыйларды жоқ қылыў мақсетине ийе болған қуўдалаўлар барысын төрт басқышқа бөлиўге болады. Биринши басқыш — сизди басқарып, өтирик алдаў ушын, сизди руўхый мақсет ҳәм үмиттен айырыў мақсетинде ой-пикирлериңизге қарсы қорқытыўлар. Екинши басқыш — сизиң аўзыңызды жаўып, руўхый түскинликке салыў, сизди гүўалық айтыўыңыз ҳәм исениўиңизди тоқтатыў мақсетинде, айтқан сөзлериңизге жуўап ретинде, басым жасаў. Үшинши басқыш — сизди реҳим менен сүйиспеншиликтен айырыў мақсетинде, қадағалаў астында услап, соққы бериў мақсетинде, ислеген исиңиз ушын жуўап ретинде қамаққа таслаў. Төртинши басқыш — сизди биринши гезекте адам сыпатында жоқ қылыў ушын, сизиң бар болғаныңызға өлим менен жуўап бериў. Адамлар барлық басқышларда қуўдалаўларға ушыраўы мүмкин. Бирақ душпанның соңғы мақсети бәри бир де бир нәрсе, яғный өлим болып табылады. Халықаралық Хош Хабаршылар аўқамының диний еркинлик комиссиясының басшысы, ҳәзирет Йохан Канделин (Johan Candelin) елде масихыйларға қарсы кем-кемнен басланып атырған қуўдалаўлар ҳаққында айтып, оның үш басқышлы екенин былай түсиндиреди: 1. Биринши басқыш таңланған топар (масихыйлар ямаса басқа қәлеген топар) туўралы надурыс хабардан (дәслеп пассив, кейин актив) ибарат. Нәтийжеде ол… 2. … дискриминацияға (дәслеп пассив, кейин актив) алып келеди. 3. Үшинши басқыш — қуўдалаўлар (дәслеп пассив, кейин актив). Алдынғы таярлық барысының ис жүзинде көрсетилген нәтийжелери бар. Егер қандай да бир топар ҳаққында надурыс хабар (соның ишинде масихыйлар ҳаққында) узақ ўақыт даўамында тарқатылса, онда бул топардың дискриминациясының басланыўы менен енди қуўдаланатуғынларды қоллап-қуўатламайтуғын болады. Себеби елдиң халқы идеологиялық қайта ислеўди бастан кеширди. Егер дискриминация барысын тоқтатпаса, әдетте қуўдалаўлар басланғанда, ҳеш ким де араласпайды. «Қуўдалаўлар келгенде, ҳеш ким де қуўдаланып атырғанларды жақламайды. Өйткени адамлар өз ҳәрекетсизлигин ҳәр қандай усыллар менен ақлай баслайды. Мысалы: «Билесиз бе, олар ҳақыйқаттан да жаман адамлар, өзи усындай болыўы турған гәп еди», — дейди деп ескертеди ҳәзирет Канделин. Бизлер биринши дәўирдиң, яғный надурыс хабардың болғанын көргенимизде, дәрҳал-ақ ҳәрекет етиўди баслаўымыз керек. Егер бизлер ҳәммемиз надурыс хабар басқышында топылысларға қарсы бириксек, сонда ҳәр қандай елде сөзсиз жуўмақланатуғын барысты тоқтата аламыз». Топардағы сабақлар Роллерге бөлинип, шынығыў өткизиў: Ҳүкимет бир жыл ишинде нызам ислеп шығыўға қарар етеди. Оған сай, рухсатсыз болған барлық жәмәәтлер жабылады. Буннан тысқары, масихыйлар залларды ижараға алыў ҳәм жәмийетлик орынларда ушырасыў ҳуқықынан айырылады. Сиз усындай рухсатқа ийе болмаған жәмәәт шопанысыз. Өз жәмәәтиңиздиң аман қалыўына жәрдем бериў ушын, сиз қандай жол қолланған болар едиңиз? Роллерге бөлинип, шынығыў өткизиң, ал кейин жәмәәтке қарсы қаратылған шайтанның алты усылының ҳәр бирин талқылаң. Сиз ҳәр бир жағдайда не ислеген болар едиңиз? Сизиң жағдайыңызға уқсасы бар? Руўхый қоллап-қуўатлаў алыў ушын, не ушын айрықша дуўа етиў керек? Талқылаў ушын сораўлар: 1. Сиз қалай ойлайсыз: коммунистлик еллерде жәмәәт қандай себеплерге байланыслы соншелли күшли болып, көп жағдайларда саны өсип кетти? 2. Не ушын рәсмий жәмәәтлерде «инфильтрация» барысын ямаса жат тийкарлардың кирип келиўин тоқтатыў соншелли қыйын? Не ушын жәмәәттеги ҳақыйқый қарым-қатнас усы мәселени нәтийжели түрде шешеди? Басқа масихыйларға қалай исениўге ҳәм қаслық орталықта олар менен бирликти қалай сақлап қалыўға болады? 3. Ерте заманлардағы жәмәәт қуўдалаўлар ҳәм бөлиниўлер машқаласын қалай жеңген? Оныншы бап Шайтанның жанды қыйратыўшы ҳәрекетлери Солай етип, Қудайға бойсыныңлар! Шайтанға қарсы турыңлар, сонда ол сизлерден қашып кетеди. Яқып 4:7 Бир белгисиз автор бизиң дыққатымызға мынадай көринисти усынды. Шайтан халықаралық жыйналыс шақырып, онда өзи қараңғылық периштелерине қарата шығып сөйлеген сөзинде былай деген еди: — Биз адамларға Мухаддес Китапты оқыўды ҳәм ҳақыйқатты билиўди қадаған ете алмаймыз. Ҳәтте, биз оларды хожалығына деген сүйиспеншиликтен ўаз кешиўге де мәжбүрлей алмаймыз. Бирақ биз басқа бир нәрсени ислей аламыз. Биз олардың жақынларының раўажланыўына ҳәм Масихтағы үзликсиз қарым-қатнасына жол қоя алмаймыз. Егер адамлар Ийса менен тығыз байланысқа ерисе алса, бизиң олар үстинен бийлигимиз ыдырайды. Сонлықтан, олар жәмәәтке барып, өзлерин тыйып жүре берсин. Бирақ олар Ийса Масихта қарым-қатнастың усы қымбатлы тәжирийбесине ерисе алмаўы ушын, сизлер олардың ўақтын урлаңлар. Әнекей, қараңғылық периштелери! Мен сизлерге усыны ислеўди буйыраман. Олар бәрқулла өз Қутқарыўшысына умтылмаўы ҳәм Оның менен болатуғын өмир ушын әҳмийетли байланысты күн даўамында сақлай алмаўы ушын, олардың дыққатын бөлип турың. — Буны қалай ислесек болады? — деп сорады гүнакар периштелер. Сонда шайтан жуўап берип былай деди: — Оларды әҳмийетсиз ислер менен бәнт қылың. Олардың ақыл-ойын бәнт қылыў ушын, есап-сансыз жобалар ҳәм мәселелерди ойлап табың. Оларды тынбастан сарплай бериўге ҳәм бул ушын қарыз ала бериўге мәжбүр қылың. Олардың ҳаялларын жумысқа барыўға, ал күйеўлерин қәлеген нәрсесин сатып ала алмаўы ушын, ҳәптеде алты яки жети күн он, он еки саатлап жумыс ислеўге көндириң. Оларға балалары менен бирге ўақыт өткизиўге жол қоймаң. Хожалық бир тутас болыўын тоқтатса, олар ата-анасының жумысынан ғәрезли болып қалады. Оның (Ийсаның) тыныш даўысын еситпеўи ушын, олардың ақылын бийлеп алың. Олар бәрқулла бир нәрсе тыңлап жүриўи ушын, радио, телевизор, плейер қойыўға мәжбүр қылың. Ҳәр бир дүкән, кафе ҳәм ресторанда үзликсиз музыка ойнап турсын. Музыка олардың ақылын гүмилжи қылып, Масих пенен болған бирлигин үзеди. Олардың журнал қоятуғын столларын газета ҳәм журналларға толтырып қойың. Бир күн удайына олардың ақылын жаңалықлар менен толтырың. Машина кетип баратырғанда, олардың дыққаты жарнама тахталарына қараған болсын. Олардың почта қутылары затлардың жарнамасы, үйге жеткизилип берилетуғын затлардың дизимлери, жарнамасы бар ҳәр қандай хабар қағазлары, бийпул қосымшалар, утыс пенен азғыратуғын лотереялар менен, өтирик үмитлерге толы болсын. Ҳәтте, дем алыс ўақтында да оларды бир минутқа да тыныш қоймаң. Дем алыс күнлеринен соң да, олар шаршаған, тынышсыз ҳәм жумыс ҳәптесине таяр болмасын. Оларға тәбият қушағында дем алыўға жол қоймаңлар. Оларды кеўил көтериўши парклерге, аттракционларға, спорт жарысларына, концертлерге ҳәм кинотеатрларға жибериң. Олар руўхый қарым-қатнас жасаў ушын жыйналғанда, оларға өсек жеткизиң, жыйналыстан уялып, сезимлерге берилип тарқасыўы ушын бос сөзлер айтыўға ийтермелең. Олар адам жанларын қутқарыў менен шуғыллана берсин. Бирақ оларда Масихтың күшин излеўге ўақыт болмаўы ушын, өмирлерин көп жақсы нийетлерге толтырың. Сонда олар өз күшлери менен хызмет етиў ҳәм жақсы ислер ушын ден-саўлығын ҳәм хожалығының бирлигин қурбан ете баслайды. Жыйналыс ақырына жетти. Қараңғылық периштелери тапсырманы орынлаўға ғайрат пенен киристи. Ҳәмме жерде масихыйларды бәнт болыўға, асығыўға, үлгермеўге ҳәм қайта-қайта сарплай бериўге мәжбүрледи! Душпанның сыртқы усылын байқаў жетерли дәрежеде аңсат. Бирақ бизиң душпанымыз ислететуғын ишки усыллар билинбес болып, оның өз мақсетине жетиўи ушын олар жийи-жийи тәсирлирек болады. ДУШПАННЫҢ ИШКИ УСЫЛЫ Айырым муғаллимлер душпанның ишки усылын нәзерде тутқан ҳалда, ол «аяқ кийимин тесилгенше кийеди» дейди. Ол күни-түни бизлерге жала жабыў менен шуғылланады. Ол бизлерди қарым-қатнастан ҳәм Масихың денеси болған жергиликли жәмәәттен айыра алса, онда бизлерди өз қағыйдалары менен жүриўге мәжбүрлей алады. Ол буған гүналарымыз бенен ҳәлсизликлеримизди бетимизге салыў арқалы ериседи ҳәм бизлерде өзи пайда еткен өзимшил қәлеў арқалы ис тутады. 1. Айыплаў сезими Бизлерде айыплаў сезимин пайда етип, өмиримизде жеңилиске ушыратыў ушын, шайтан бизлерди бәрқулла айыплайды. Деген менен, ҳақыйқый айып Қудайға бойсынбаўшылықтың нәтийжеси болыўы мүмкин. Мухаддес Китаптың көз қарасы бойынша нениң айыплаў сезими болатуғынын ҳәр тәреплеме қарап шығайық. Тәсирли қурал Бизиң айыплаў сезимимиз аз-маз болса да дурыс. Биз ҳәммемиз де Ийемиз алдында айыплымыз. Арамыздағы ҳеш бир адам барлық жағдайлар үстинен жеңиске ерискенин айтып, мақтана алмайды. Сонлықтан шайтан бизди айыплайды. Биз өз жүрегимизде оның айыплаўларында ҳақыйқатлықтың көп екенин билемиз. Бирақ Қудай бизге ҳәр қандай гүна ҳәм оннан кейин келетуғын айыплаў сезиминен тазаланыў мүмкиншилигин берди. Биз Ийемизди қапа қылғанымызды түсинип жетсек, тәўбе қыламыз ҳәм Ол ҳәр сапар бизлерди кеширип, тазалайды (Юхан. 1-х. 1:19 ға қараң). Биз гүнамызды мойынлаўдан-ақ, ол жоқ болып кетеди ҳәм биздеги айыплаў сезими де өтип кетиўи тийис. Даўыттың өмиринде болған ўақыя Қудайдың гүнаны жоқ қылатуғын усылларын сүўретлеп береди. Олар: әшкаралаў, мойынлаў, тәўбе етиў, кеширимге умтылыў, кеширим алыў, алғыс ҳәм қуўанышлы хызмет (Забур 31:3–4; 50-бап; Пат. туўр. 2-к. 12:1–13 ке қараң). Усы Ески Келисим аятларын таллаў айыплаўдан азат болыў жолын көрсетеди. Тәўбе етилмеген айып Павел Тимофейди ескертип, соңғы күнлерде өзлерин масихыймыз деп атаўшы көп адамлардың наҳақ өмир кеширетуғынын айтқан еди. Және де, ол адамлардың өз гүналары ушын айыпланыў аўырманлығы астында соншелли жәбир шегетуғынын, исенимде беккем тура алмай, ҳақыйқат жолынан аңсат шығып кететуғынын да айтқан еди (Тимоф. 2-х. 3:1–7 ге қараң). Тәўбе етилмеген айып сезими үлкен машқала болып табылады. Егер масихый албырап турған болса, егер ол Қудай алдында беккем турмаған ҳәм ҳәлсиз болса, онда ол өз жүрегин изертлеп көриўи ҳәм өзинде Ийемиз алдында тәўбе етпеген гүна жоқ екенине көз жеткизиўи тийис. Егер исениўши өз жүрегиниң ҳақ екенине исенимли болса, онда ол өзиниң айыплаў сезиминиң өтирик екенин ҳәм шайтан тәрепинен сиңдирилгенин билиўи керек. Елши Юханның Аянына сай (12:11), исениўшилер шайтанның айыплаўларына қарсы үш жол менен ис тутыўы мүмкин: «Олар шайтанды Қозының қаны ҳәм өзлери айтқан гүўалықлары менен жеңди, бул ушын өз жанларын өлимге қыйды». Қозының қаны Биз Масихтың қанына деген исеним менен тазаландық. Оның қутқарыўшы мийрими ҳәм мийрим менен қутқарылған бизлерди гүнакар сыпатында қабыл етиўге таярлығы қутқарылыўға деген гилт болғанлықтан, биз өзимизди Оның сүйиспеншилигине ылайықсыз сезбеўимиз керек. Гүўалық сөзлери Исениўшилер Масихтың Өзи, шайтан ҳәм пүткил дүнья еситиўи ушын, гүналардың кеширилиўи ҳәм Масихтың сүйиспеншилигин бәлент даўыс пенен жәриялайды (Рим. 8:31–33 те усылар ҳаққында айтады). Қурбан етиўши сүйиспеншилик Сүйиспеншилик ҳәм қурбанлықта ғана адамның өз абырайы, қәўипсизлиги, жан тынышлығы ҳәм азатлығы туўралы ҳәр қандай тәшиўишлениўди жеңип өтетуғын сыр жатыр. Исениўшилер өз қәлеўи менен өзлерин қурбан етип, Масихтың Өзинен үлги алады. Чадтағы революциялық армияның әскерлери жас масихыйға қәўимдеги анимистлик рәсимде қатнасыўды буйырды. Олар өз елинде масихыйлықты жоқ қылыўға ҳәм ўатансүйерликти көтермелеў арқалы Чадтың әййемги бутқа табыныўшылық дәстүрлерин жаңалаўға ҳәрекет етти. Жергиликли жәмәәтлердиң жетекшилери масихыйлар анимистлик рәсимлерде қатнаспаўы керек деп, өз ара шешим қабыл етти. Жас жигит рәсимде қатнасыўдан ўаз кешкенде, оны сабап таслады. Бирақ ол айтқанынан қайтпады. Сонда әскерлер оны анасы, апа-қарындаслары ҳәм басқа қызлардың көз алдында тыр жалаңаш қылып шешиндирип, және сабады. Жигиттиң батырлығы жоғалып, ол ишлей жеңилди. Кейин ол өзин жүдә жаман сезди. Ол өзиниң Ийемизди сатқанын сезди. Онда айыплаў сезими күшли еди. Шайтан оны Ийемиздиң өзин ҳеш қашан қабыл етпейтуғынына исендирмекши болды. Бирақ жигит Мухаддес Китаптағы Қудайдың ўәделерин билгенликтен, өз гүнасын мойынлады. Ийемиз оны кеширди ҳәм оның жүреги және қуўаныш ҳәм тынышлыққа толды. Жигит қоңсылары алдында өз исенимин ашық айта баслады ҳәм сол себептен қамаққа алынды. Ҳүкимет оннан Масихтан ўаз кешиўди талап етти ҳәм егер ўаз кешиўден бас тартса, тирилей көметуғынын айтып, қорқытты. Бул рет оның исеними тайсалмас еди ҳәм ол Ийемизден ўаз кешпеди. Оны сабап, қамаққа салды ҳәм ол сол жерде өлим ҳүкимин күтип жатты. Жигиттиң исеними еле де күшейип барды ҳәм Ийемиз оған қутқарылыў сыйлады. Жазалаўшы ҳүкимет аўдарылып, жас масихый азат етилди. 2. Өтирик айып сезими Егер ҳақыйқый айып сезими Қудайға қулақ аспағанлықтан пайда болса, онда өтирик айып сезими адамлардың күткенине сай нәрселер болмағанлықтан пайда болады. Әдетте бул нәрсе биз Қудайдың сөзи үйреткен нәрселерге емес, ал адамлардың пикирине қатты сүйенсек пайда болады. Исениўшилер ҳақыйқый айып сезимин айырып билиўи ушын, Мухаддес Руўхтың басқарыўында Қудайдың сөзин бәрқулла үйренип барыўы тийис. Шайтан әлле қашан кеширилген гүналар ушын айыпты сезиў аўырманлығы менен бизди езип таслаўға тырысады. Сол тәризде ол бизлердиң руўхымызды түсирип таслайды. Ҳақыйқаттан да, биз бир ўақытлары гүна ислегенбиз, бирақ бизиң айыпты сезиўимиз — өтирик! Деген менен, шайтан Мухаддес Жазыўдың ҳақыйқатын жек көреди ҳәм сонлықтан сиз оны жәриялаўдан-ақ, шайтан қашып кетеди. Әлбетте, көп узамай, ол қайтып келеди. Бирақ сиз ҳәр сапар оның үстинен жеңиске ерисе бересиз. «Не ушын бундай болып атыр» деген сораўға қандай қатнаста болыў керек? Исениўшилердиң басына қуўдалаўлар түскенде, жәмәәтлер жабылып қалғанда, олардың жедел ҳәрекети тоқтағанда, абырайы төгилген жетекшилер жөнсиз айыпланғанда, адамлар: «Не ушын бундай болып атыр?» — деген сораўды бере баслайды. Сонда шайтан өз жуўабы менен таяр турады. Ол исениўшилердиң өзлерин айыплы сезгенин қәлейди. Ол исениўшилерди жеткиликсиз дуўа етти, исеними жүдә ҳәлсиз болды ҳәм олардың гүналары Қудайдың ғәзебин оятты деп айтады. Сонда өтирик айып аўырманлығы исениўшилердиң желкесине аўыр жүк болып шөгеди, оларды руўхый күштен айырып, ҳеш нәрсеге алып келмейди. Шайтан бәрқулла бизиң дыққатымызды өтмишке ҳәм келешекке аўдарыўға ҳәрекет етеди. Ал Қудай бизиң ҳәзирги ўақытқа дыққат қаратыўымызды, бурынғы гүналардың кеширилгенин жәриялаўымызды, өз келешегимизди Оның қолына тапсырыўымызды ҳәм ҳәзирги ўақытта Ол ушын жасаўымызды қәлейди. Бизлер исениўши сыпатында өзимизге ҳәмме ўақытта: «Ийем, маған не ислеўди буйырасаң?» — деп сораў қойыўымыз тийис. Сыйыныўдың сыртқы түрлери Қуўдалаўлар кем-кемнен қатал болып барған сайын, масихыйларға Қудайға хызмет етиў жыйналысларын көпшилик адамлар менен биргеликте өткизиў қыйынласып бара береди. Шайтан оларды я радикализмде, я қорқақлықта айыплайды. Егер екшемби күни олар Қудайға хызмет етиў жыйналысына бара алмаса, шайтан оларды Масихтан ўаз кешкенликте айыплайды. Ушырасыў ушын екшемби күни бир жерге келген еки ямаса үш адамнан ибарат болған жыйын ҳақыйқый Қудайға хызмет етиў жыйналысы деп санала ма? Биреў Мухаддес Китаптан бир аятты келтирсе, ал қалған адамлардың ҳеш биринде Мухаддес Китап болмаса да, биргеликте аятты талқыласа, буны «Мухаддес Китапты үйрениў» деп атаўға бола ма? Егер еки я үш адам қараңғы жерде үнсиз отырып, тыныш, ишлеринен дуўа етсе, буны дуўа етиў жыйналысы деп атаўға бола ма? Сизиң жумыс орныңыздағы мийнетиңизди ҳәм қуўдалаўлар ўақтында өзлериңизге исенимли болып, тынышлыққа ийе екениңизди көрсеткениңизди Масихтың гүўалығы деп атаўға бола ма? Шайтан исениўшилерди өзлерине усындай сораўларды бериўге мәжбүрлейди ҳәм дәрҳал үмитсизликке толы жуўапларды да усынады. Сонда бизиң айыплаў сезимимиздиң аўырманлығы еле де күшейип бара береди. Ҳүкиметке деген қатнас Исениўшилер ҳәм Мухаддес Китаптағы буйрықларға бойсыныўға, ҳәм жазалаў тәртиби жағдайында нызамға қулақ асатуғын пуқаралар болыўға ҳәрекет етсе, шайтан оларды масихый гүўалық бойынша келисим дүзгенде айыплайды. Егер исениўшилер ҳүкимет тәрепинен исленген басымға қарсылық көрсетсе, шайтан оларды Мухаддес Жазыўда айтылған ҳүкиметке бойсыныўдан бас тартқанлықта айыплайды. Егер масихыйлар елдеги ҳүкимет масихыйларға қарсы болса да, өз елин жүдә жақсы көрсе, шайтан бул туўысқанларға Масихтың исин сатқанлықта айып қояды. Ийса: «Қайсардикин Қайсарға, Қудайдикин Қудайға бериңлер», — деп үйреткен еди (Матта 22:21). Павел Римлилерге жазылған хатта (13:1–7) Қудайдан болмаған ҳүкимет жоқ екенлигин, ал жерде абырайлы болғанлар жер бетинде толық бийликке ийе емес екенлигин үйретеди (Петр. 1-х. 2:13–17; Тимоф. 1-х. 2:1–4; Титус 3:1–2 ге қараң). Мухаддес Китап тәлийматына сай, бизиң жердеги ҳүкиметлер алдындағы жуўапкершилигимиз төмендегилерден ибарат: • қулақ асыў; • нызамға бойсыныў; • жақсылық ислеў; • ҳүкиметти сыйлаў; • кишипейил ҳәм досларды сүйиўши болыў; • салық төлеў; • ҳүкиметти жаманламаў. Ийсаның тәлийматынан ҳүкиметтиң айырым тараўлары тек Қудайға тийисли екенин билемиз. Егер жердеги ҳүкиметлер усы тараўларды өзлерине бағындырып алыўға тырысса, тек Қудай ғана басқаратуғын сол тараўға суғылысса, исениўши адамларға емес, ал тек Қудайға ғана қулақ асыў шәрт (Ел. исл. 4:19; 5:19 ға қараң). Мухаддес Китапта бул тийкарғы пикир көп мәртебе тастыйықланады: • Седрах, Мисах ҳәм Авденаго патшаның буйрығына бойсыныўдан бас тартты ҳәм алтын бутқа сыйынбады; • Даниел дуўа етиўди қадаған еткен патшаға бойсыныўдан бас тартты; • Петр ҳәм Юхан Ийса ҳаққында ўаз айтыўды тоқтатыўды буйырған жоқарғы кеңеске бойсыныўдан бас тартты; • Павел қала басшыларының қарарына бойсынбай, қуўдалаўшылардан қашып қутылыў ушын, қала дийўалынан түсирилген себетке минип, Дамасктен кетип қалды; • Нызам бойынша масихыйлық қадаған етилген дин болса да, Павел Римде өзин қараўыллағанларға Масих ҳаққында гүўалық берди. Бундай бойсынбаўшылық тек ҳүкимдарлар өзлериниң бийлиги тараўынан Қудайға сыйынатуғын тараўға қарай өткен ўақытта кеширимли екенин атап өтиў керек. Биз Петрдиң сақ болыўды ескерткенин есимизде сақлап (Петр. 1-х. 2:15–16 ға қараң), масихыйлық азатлықты жаманлықты ақлаў ушын қолланбаўымыз тийис. Бағыныў ҳәм бойсыныў Егер масихый өз елиниң масихыйлыққа душпан болған сиясий күшлердиң қадағалаўы астына түскени себепли, оған қарсы ҳәрекет етиўге мәжбүр болса, онда шайтан исениўшиге оның руўхый өмирин қыйрататуғын айып сезиминиң аўырманлығын салыўға ҳәрекет етеди. Масихый өз елине оның пуқарасы сыпатында мийнеткешилиги ҳәм жумыс сыпаты менен садықлығын көрсете алады. Басқалар менен аз азық-аўқатты бөлисиўге таяр болыў яки мүтәж болғанларға ҳәр қандай жәрдем бериў арқалы жақсы қатнасты көрсетиўге болады. Басқа масихыйлар ҳүкимет басында жазалаў тәртиби турған елден қашып кетиў мүмкиншилигинен пайдаланса болады. Бундай жағдайда, олар шайтанның өзлерин жаўызлық пенен жөнсиз айыплап, айып сезими менен езип таслаўын күтиўи керек. Мухаддес Руўхтың басқарыўында белгили емес орынды ийелеген ҳәр бир масихый төлеўи тийис болған қун усыннан ибарат. Бирақ биз Қудайға бойсынбағанлықтан пайда болатуғын ҳақыйқый айып сезимин адамлардың пикирлеринен ибарат болған өтирик айып сезиминен айырыў кереклигин әлле қашан билемиз. 3. Қорқыныш Шайтан қорқынышты бизиң адамыйлық тәбиятымыздың тийкарғы сезимлери сыпатында ислетеди. Басында өлим бар адам ушын әсиресе белгисиз нәрседен қорқыў тәбийғый нәрсе. Адамның аўырыў ҳәм өлимнен қорқыўы түсиникли. Шайтан бәрқулла усы сезимнен пайдаланады. Ҳәммесинен бетер, ол Шаулдың филистлердиң алдында ислегениндей, бизлердиң де қорқыныш себепли ҳәрекетсиз қалғанынымызды қәлейди. Бизиң қорқынышларымыз Не ушын биз қорқыныштың зәрремизди ушырыўына жол қоямыз? Бир тәрептен қарағанда, биз өзлеримиз қайталаўды қәлемеген өтмиштеги тәшиўишлерди умытпаймыз, ал басқа тәрептен қарағанда, биз алдымызда не күтип турғанын пүткиллей билмеймиз. Бирақ жийи-жийи адамлар басынан кеширетуғын қорқыныш ҳәм тәшиўишлер ҳеш қандай тийкарға ийе емес. Пүткил қорқыныш шамалаўларға тийкарланған. Негизинде қорқыныш — ҳақыйқый болып көринген өтирик күтиўлер. Егер биз буны бәрқулла есимизде сақласақ, көп қорқынышларды табыслы түрде жеңе аламыз. Дурыс, гейде бул өтирик күтиўлер ҳақыйқаттан да шектен тыс исенимли болып көринеди! Деген менен, душпанның ҳәр қандай усылы сыяқлы, бизге таңылған қорқыныш ҳәм қәўип сезими өтирик екенин бәрқулла есимизде сақлаўымыз тийис. Сонлықтан пүткил Мухаддес Китапта көп мәртебе: «Қорқпа!» — деген сөзлер жаңлайды (Ийшая 41:10 ға қараң). Қорқынышты қалай жеңиўге болады? Қорқынышты жеңиў ушын, масихыйлар Мухаддес Китаптағы төрт тийкарды жақсы билиўи тийис: Қудай ҳәмме нәрсени қадағалап турыпты. Ол бизлерге өзлеримиз ушын жақсылық алып келетуғын нәрсени ғана басымыздан кешириўге жол қойып береди. Себеби тек Ол ғана бизлерге ҳақыйқаттан нениң пайда келтиретуғынын биледи. Биз Оған исениўимиз керек (Филип. 4:6–7; Ел. исл. 27:23–25 ке қараң). Биз бул жер бетинде жат жерли ҳәм шет елли адамлармыз. Бизиң ҳақыйқый үйимиз аспанда. Бизлердиң арамыздағы айырымларымыз үйимизге өзи ойлаған ўақыттан ертерек кетиўи мүмкин. Биз буған таяр болыўымыз тийис (Евр. 10:32–39 ға қараң). Қудай бәрқулла жаманлықты бизлер ушын жақсылыққа айландырады (Рим. 8:28 ге қараң). Юсуп өз аға-инилерине адамның жаманлық ойлайтуғынын, бирақ Қудай оны жақсылыққа айландыратуғынын айтқан еди! Душпан тек бизлердиң денелеримизге ғана зыян келтире алыўы мүмкин. Бирақ бизиң мәңгиликтеги аўҳалымызға емес (Лука 12:4–5). Ийса исениўшилерге өмиринде биринши орынға кимди қойыў кереклигин дурыс билиўди кеңес етип былай деген еди: «Денени өлтирсе де, жанды өлтире алмайтуғынлардан қорқпаңлар. Ал жанды да, денени де дозақта жоқ қыла алатуғын Қудайдан қорқыңлар» (Матта 10:28). Дағдарыс ўақытлардағы қорқыныш Бизлерди дағдарыс ўақытларында қатты албыраўға мәжбүр етсе, шайтан қуўанады. Қытайлыларда «дағдарыс» деген сөздиң мәнисине байланыслы, еки қаҳарманнан ибарат болған қызықлы сабақ бар. Бир қаҳарман — бул қәўип, ал басқасы — мүмкиншилик. Ҳәр бир дағдарыс ўақтында еки элемент болады. Солай етип, дағдарыс — бул адамға белгили мүмкиншиликлер беретуғын қәўипли аўҳал болып табылады. Егер пүткил дыққатыңызды қәўипке қарататуғын болсаңыз, онда сиз қорқыныш пенен байланып қаласыз. Деген менен, егер сиз мүмкиншиликлерге дыққат қаратсаңыз, онда қәўиптен исеним қанатларында ушып кете аласыз. Тек бизлер ғана усы элементлердиң қайсысына дыққат аўдарыўымыз кереклигин таңлай аламыз. Әдалатсызлық ҳәм гүнаға қарсы шығыўдан қорқыў Жеке қорқынышқа тийкарланған бирдей себеплер бул гүнакар дүньяда бизге Қудайдың жәмәәтин қорғаў ушын Оның даўысы болыўға жол қоймайды. Масихыйлар өз жәмийетиниң әдалатсызлығы менен гүнакарлығына ашық қарсы шығыўды үйрениўи тийис. Бул ис биз азап шегип атырған туўысқанларымызға жәрдем бере алатуғын аўҳалларда дурыс болады. Бирақ қорқыныш бизиң тилимизди байлап таслаўы мүмкин. Биз жәмәәт сыпатында ашық сөйлеўди үйрениўимиз ҳәм қорқыныш сезимине берилмеўимиз тийис. Биз қорықсақ, Мухаддес Жазыўдағы ўәдени жәриялаўымыз тийис екенин умытпаўымыз зәрүр: «Қудай бизлерге қорқақлық руўхын емес, ал күш, сүйиспеншилик ҳәм салдамлылық руўхын берди» (Тимоф. 2-х. 1:7). Биз толық жеңиске ерискенди ҳәм ақырында шайтанның тәғдири қандай болатуғынын ҳәмме ўақытта есте сақлаўымыз керек (Аян 20:10 ға қараң). Және де, биз қорқыныштың екинши тәрепинде Мухаддес Китап «Ийемизден қорқыў» деп атаған қорқыныш бар екенин умытпаўымыз зәрүр. Қудайды ҳүрмет етип, Оннан қорқыў басқа барлық қорқынышларды серпип жибереди. 4. Ҳәр түрли динлердеги элементлериниң араласыўы (синкретизм) Шайтан көп жалған дин топарларын дин тәлийматларының араласпасы менен бириктирди. Кейин ҳақыйқый масихый исениўшилерге «жанкүйерлер» деп ат тақты. Өйткени биз Масихтағы қутқарылыў тәлийматына садық қаламыз. Заманагөй дүнья адамлардың толық ҳақыйқатқа исенбеўи менен айырылып турады. Абсолюттың жоқлығы кең тарқалған көз қарас болып, оған сай ҳәр қандай динде қандай да жақсы нәрсе болып, ҳәмме жоллар аспанға апарады. Бундай жағдайда адамлардың өзи қәлеген диннен қәлеген элементти таңлап, оларды қәлеген реңге араластырады. Бул синкретизм болып табылады. Мысалы: «Жаңа эра» ҳәрекетин синкретикалық деп сыпатлаўға болады. Синкретизмдеги тийкарғы сөзлер «шыдамлылық» ҳәм «әңгимелесиў» болып табылады. Бул сөзлер өз-өзинен жақсы сөзлер, бирақ олар Мухаддес Китап исениўшилерин келисимге келиўге мәжбүр ететуғын мәнисте қолланылады. Лут — өз өмирине синкретизмниң билдирмей кирип келиўине жол қойған Мухаддес Китаптағы қаҳарман. Жаратылыс китабының 13-бабында оның наҳақ қала Содомнан алыс болмаған ойпатлыққа орналасқанын көремиз. Ол 14-бапта қалада, ал 19-бапта қала дәрўазасының қасында оның ақсақалларының бири сыпатында отырды. Лут өзи ушын Қудайға дуўа еткен ағасы Ибрайым себепли Содом ҳәм Гомора қалалары қыйратылғанда аман қалған еди. Адамлар жалған қутқарылыў жолына исенсе, шайтан қуўанады. Ол адамлардың ҳақыйқатты билиўин, ҳақыйқат, жол ҳәм өмир болған Ийса Масих туўралы билиўин қәлемейди (Юхан 14:6 ға қараң). Бир адам Қудайдың қандай екенин билдиретуғын ҳәм адамларды бирликке әкелетуғын жалғыз сөзди излеп, пүткил жер жүзин айланып шыққан екен. Тосаттан оның есине «сүйиспеншилик» деген сөз келди. Кейин ала ол: «Қудайға сүйспеншилик деген улыўмалық ат бериң. Биз дүньядағы барлық динлердиң ҳақыйқатын бир қылып бириктиретуғын алтын сабақ дөрете аламыз», — деди. Бирақ сүйиспеншилик Қудайдың аты емес, ал Қудайдың тәбияты. Ол Өзиниң усы тәбиятын Өз Улын бизиң гүналарымыз ушын өлиўге жибергенде көрсетти (Юхан 3:16 ға қараң). Биз Қудайдың өзлеримиз ушын берген қурбанлығын толық қабыл етсек, Қудайдың Өзи арқалы ҳәмме адамларды бириктире алатуғын ҳақыйқый сүйиспеншилигин биле аламыз. 1999-жылдың октябринде Ватиканда ҳәр түрли динлердиң ўәкиллери жыйналды. Бул топарда Рим папасы, Далай-лама ҳәм иймам У. Д. Мухаммед бар еди. Гүўалар бир ҳинд ҳаялы айтқан төмендеги сөзлерди келтиреди: «Ең бастан-ақ, делегатлардың барлық динлердиң улыўмалық ҳақыйқатқа ийе екени ҳәм өзлериниң бир мақсетке апарыўшы ҳәр түрли жоллар екени бойынша бир пикирге келгенин атап өтиў унамлы. Және де, делегатлар «зулым» прозелитизмди бир аўыздан ҳүким етти». Бундай пикир бизиң ҳәзирги дүньямызда үстинликке ийе. Шайтан бул пикирдиң ҳәм минез-қулықтың бизиң жәмәәтимиз ҳәм айырым исениўшилер ушын айрықша болыўы ушын қолынан келген ҳәмме нәрсени ислейди. Синкретизмниң соңғы нәтийжеси болса, еркин жәмийетте Масих туўралы Хош Хабарды тарқатыўды ҳәм басқа дин ўәкиллериниң масихыйлыққа өтиўин қадаған етиўши нызамлар болып табылады. ПАЙДАКҮНЕМЛИК Дүньядағы даңқ ҳәм абырай сыяқлы, ақша, мал-мүлик ҳәм қолайлықлар өмирдеги ең баслы нәрселер деген түсиникке шайтан адамларды әсте-ақырынлық пенен жетелеп барады. Қудай пүткил тиришиликти жаратты ҳәм Ол адамлар ийелик ететуғын ҳәмме жақсылықтың тийкары болып табылады. Бирақ биз өмиримизде Қудай ғана турыўы керек биринши орынға ақша ҳәм затларды қойсақ, Қудай буған қайыл болмайды. Қудай бизлерге аңсат ғана бериўди қәлейтуғын гүллениў Қудайдың орнын ийелемесе ғана, ол жарылқаў болып табылады. Сол тәризде, дүньядағы даңқ ҳәм абырай сыяқлы, пайдакүнемлик өмирге деген қатнас болып, ол ақша, мал-мүлик ҳәм қолайлықларды ҳәммесинен жоқары деп санайды. «Қудай жоқ» деп айтпай-ақ, «Бизлерге Қудай кереги жоқ!» деп айтыўға болады. Масихыйлар ушын пайдакүнемлик — бул билинбейтуғын дузақ, себеби биз масихыйдың барлық сыртқы белгилерине ийе болсақ та, бирақ жүрегимиз толық материалист болыўы мүмкин. Бундай жағдайды әстен ысып атырған суўдағы қурбақа менен салыстырыўға болады. Өйткени суў әсте-ақырын ысып барады, қурбақа ыссылықтың өзгериўине үйренип қалып, қәўипти сезбей қояды, ҳәтте, ол өлимниң қушағынан секирип түсиўге де ҳәрекет етпейди. Ҳәзир еркин ел болған коммунистлик Румыниядағы бир жәмәәт жетекшиси былай дейди: «Мен өз тәжирийбемнен келип шығып, қуўдалаўлар себепли исеними сыналған масихыйлардың тоқсан бес пайызы бул сынаққа шыдай алатуғынын, бирақ байлық себепли исеними сыналған сол тоқсан бес пайыз шыдай алмай, исенимнен қайтатуғынын билемен». Бизди дузаққа түсире алса, шайтан қуўанады. Масихыйлар ақшалар менен мал-мүликтиң азғырыўшы тәрепин я билмейди, я оны тән алғысы келмейди. Нәтийжеде көп адамлардың руўхый күшлери таўсылып, улыўма алғанда, жәмәәт руўхый ҳәлсиз болып қалады. Ақша от сыяқлы хызмет етсе, жақсылық алып келеди. Бирақ ол адамды басқарса, онда қыйратады. Егер жәмәәт усы азғырыўды жеңиўди қәлесе, онда ол олардың ҳақыйқый тәбиятын тез түсинип жетиўи шәрт. Ийсаның заманында ертеңине жейтуғын жетерли аўқаты бар, ҳәтте, өзгертип кийетуғын еки иш көйлеги бар адам бай саналған. Усы өлшем бойынша, ҳәзирги заманда жарлы деп аталыўшылар шектен тыс бай болып табылады. Пүткил батыс еллери де усындай. Байлық өз-өзинен жаман емес. Ал қәўип пайдакүнемликтен ибарат болып, ол төмендеги мәнислерге ийе: Материаллық затлар тек жағымлы күшке ийе Өзиниң азғырыўшы күши себепли, байлық қәўипке ийе болып, адамларды жийи Ийса Масихтан ҳәм Оның Патшалығынан ўаз кешиўге мәжбүр етеди. Бир күни Ийсаның алдына бир жас ҳәм бай ҳүкимдар келген еди. Бирақ Ийса оған пүткил мал-мүлкин жарлыларға тарқатып бериўди буйырғанда, ол қапа болып кетип қалды. Ийса буны былай түсиндирген еди: «Байлығы барлардың Қудай Патшалығына кириўи қандай қыйын!» (Лука 18:24; Марк 10:23; Матта 19:23). Материаллық затларды жақсы көриў адамларды жаман ислерге ийтермелеўи мүмкин Байлыққа умтылыў адамларды ҳәмме нәрсеге, ҳәтте, өз жанын шайтанға сатыўға мәжбүр қылыўға дейин апарыўы мүмкин. Мухаддес Жазыўда ескертилгениндей, нәтийжеде адамлар ҳәзир азғырылады, ал кейин нәлетке ушырайды (Тимоф. 6:9–10 ға қараң). Материаллық затлардың көплиги бизди Қудайдың ҳәмме нәрсениң тийкары екенин умытып қойыўға мәжбүр қылыўы мүмкин. Израиллылар бул қәўипке байланыслы ўәде етилген жерге кирместен бурын ескертилген еди (Ныз. қайт. 8:11–17 ге қараң). Байлыққа умтылыў жийи урысқа алып келеди. Бул ҳаққында Яқыптың хатында анық сөз етилип (4:1–2), дүнья тарийхынан келтирилген көплеген мысаллар менен тастыйықланады. Байлық адамлардың жүрегин жарлылардың мүтәжликлерине мийрим-шәпәәтли қылмайды. Ал керисинше, оларды жаўыз қылады. Байлар жийи қапы алдында турған жарлыларға пүткиллей бийпәрўа болады (Лука 16:19–31; Ийшая 5:8–10; Амос 6:4–7; Яқып 5:1–5 ке қараң). Байыўды күсеўди қанаатландырыў мүмкин емес Ақша белгили бир күшке ийе болып, ол өз өмири менен жасайды. Ол өз тәбияты бойынша шайтанның күши болып табылады. Ийса байлық туўралы айтқанда, арамейше «маммона» деген сөзди қолланып, Өзиниң қарсыласы болған қудайдың физикалық ҳәм руўхый көринисин нәзерде тутқан еди. Солай етип, ақша — бул жедел күш, өзине садықлықты сиңдиретуғын қәбилетке ийе болған өз-өзинен нызам болып табылады. Шетте турып, ақшаның изине түскен адамларды бақлап турыў жүдә пайдалы болар еди. Бул ғалма-ғаллық тек жарлылар ҳәм кәмбағаллар арасында болмайды. Дүньядағы ең бай адамлар да еле де байыўға умтылыў менен бәнт. Орта қатлам ўәкиллери үйлерди сатып алыў, керегинен зыят көликлер ҳәм кийим-кеншекке ийе болыўды даўам етпекте. Егер ақша тек зат алыў ушын алмастырылатуғын қурал болғанда, онда көп ақшаға ийе болыўдың ҳеш қандай мәниси болмаған болар еди. Биз адамларды олардың байлығына қарай баҳалаймыз, биз оларға қанша ақшаға ийе екенине қарап, ҳүрмет-иззет көрсетемиз. Материаллық нәрселерден ғәрезли болыўды қалай жеңиўге болады? Ал Маммона қудайы үстинен қалай жеңиске ерисиўге болады? Баслысы — Мухаддес Руўх бизлер менен бирге, ал Ийса — бизиң Устазымыз. Мухаддес Китап келешекти усынады. Оның бийиклигинде турып, барлық экономикалық шешимлерди қабыл етип, барлық ўәделерди баҳалаўға болады. Төменде усы себепке байланыслы, усыныслар берилген: Сизде ақша пайда ететуғын сезимлер болған қорқыныш, қорғаўдың болмаўы, айып сезими, менменлик ямаса күншилликти қарап шығың. Биз жүдә аз нәрсеге ийе болыўға қорқамыз. Бизиң қорқынышларымыз ҳеш нәрсеге тийкарланбаған болып, ҳақыйқаттан узақ. Биз берилген ўәдедеги сөзлерге қарамастан бурын, усы сезимлерди қарап шығыўымыз тийис. Өзиңиздиң материаллық жақтан бай екениңизди бийкарлаўды тоқтатың. Өзиңиздиң аз нәрсеге ийе екениңизге наразы болыўдың орнына дүнья пуқарасына айланып, өзиңизге пүткил адамзаттың жалпы жағдайында қараң. Тәўбе етиў мүмкин болған жағдайды жаратың. Биз өз ўазларымызда гүна ушын тәўбе етиўди я ҳүким еттик, я оны мақтадық. Бирақ адамларға бир-бириниң алдында тәўбе етиўге жәрдем етпедик. Бизиң көпшилигимиз өзимизди жалғыз ҳәм ҳеш кимге керек емес деп сеземиз. Егер биз өзимиздеги қорқыныш ҳәм азғырыўшы нәрселерди мойынлай алсақ, жүдә жақсы болар еди. Мысалы: «Мени кешир, себеби гүна иследим. Ақша мениң жүрегимди ийелеп алды!» Сизге усы шубалаңқы жағдайдан шығыўға жәрдем беретуғын басқа адамды табың. Сиз оның менен өз ара келисим дүзип, өзлериңизди ақшаның азғырыўшы күши ийелегенде, бир-бириңизге жәрдем ететуғыныңызды ўәде қылыўыңыз тийис. Жарлы адамлар менен байланысыўға мүмкиншилик табың. Байлық қыйратыўшы нәтийжеге алып келиўи мүмкин. Биз жарлылардан бөлекленип, олардың азап ҳәм аўырыўларын көрмеймиз. Биз жарлылар арасында болыўымыз, оларға ўаз айтыўымыз емес, ал олардан үйрениўимиз тийис. Қуўанышлы ҳәм сақый жүрек пенен бериңлер. Бериў бизлерден сықмарлықты кем-кемнен түп-тамыры менен суўырып таслайды. Ҳәтте, жарлылар да өзлериниң бере алатуғынын билиўи керек. Ақшадан яки басқа ғәзийнелерден айырылыўдың өзи бизиң ишимизде бир нәрселерди қылады. Ол бизиң ишимиздеги нәпсиқаўлықты қыйратады. Бизиң Маммонаға қарсы гүресимизде, Қудайға бизге жәрдем бергиси келетуғын Досқа қарағандай қарайық. Ол ҳүким ететуғын душпан емес. Бизиң еле де жарлылаў өмир тәризине умтылыўымыз дуўа етиўден басланады. Биз Ийемизге Оның изине ақырына дейин ериўге таяр екенимизди айтамыз. Енди биз Оған бойсыныўымыз керек ҳәм сонда Ол бизди бағдарлап, ақыл-нәсият береди. Жақында қытай жетекшилери олардың хызметинде пайда болған машқаланы талқылаў ушын ушырасты. Баслы гезектеги машқала ақша ҳәм материаллық азғырылыў болды. Бул қәўиптиң еки тийкары бар. Бириншиси, Қытай жағалаўларындағы аймақларда өмир тәризиниң өсип барыўы. Ол жәмәәт жетекшилерин саўдаға кетиўге мәжбүрлеп, жәмәәтти керекли шопанлардан айырады. Басқа машқала — батыс масихыйларының Қытайдағы үй жәмәәтлерине қурбанлық бериўи болып табылады. Немец жәмәәтлериниң топары үй жәмәәтиниң белгили жетекшисине тоғыз мың долларды қурбанлыққа берди. Бул оның жасырын жыйналысты шөлкемлестириўи ушын еди. Жетекши бул мақсет ушын тек қурбан етилген ақшаның үшинши бөлегин сарплап, қалғанлары менен елден шығып кетти. Оның устазы төмендеги сөзлерди айтты: «Арамыздағы аз адамлар ғана бундай азғырылыўды жеңе алады. Әсиресе бул егер биз пүткил өмиримиз даўамында дерлик жүдә жарлы аўҳалда жасаған болсақ қыйын соғады. Адамды бундай аўҳалға салыўға болмайды. Себеби оған берилген ақша есап талап етилместен, жеке тәртипте берилген еди». Жәмәәт жетекшилери шопанлар арасында есап бериўди қатал қылыўға қаратылған белгили шебер жетекшиликти ислеп шықты. Және де, олар батыс масихыйларына мынадай хат жоллады: «Сизлерден өтиниш, ақша бериўди шешиўден алдын дыққатыңызды жәмлеп, дуўа етиңлер. Ақшаны үй жәмәәтлериниң ҳәрекетлери менен қатнас жасаўда тәжирийбеге ийе миссиялар арқалы бериўге тырысың. Жәмәәттеги исениўшилердиң жеке мүтәжликлери ушын аз ақша бериң». ЖУЎМАҚ Дыққат аўдарыңлар: шайтанның топылыслары жалған ҳәм қорқытыўларға тийкарланған. Душпан исениўшилер ҳаққында өтирик мағлыўматлар бериўге, оларды мүмкиншилиги болғанынша, ҳәмме жерде алжастырыўға ҳәм алдаўға тырысады. Тағы да, ол бизиң қорқынышқа бойсыныўшылығымызды ислетиўге ҳәрекет етеди. Бирақ ҳақыйқат Руўхы болған Мухаддес Руўх шайтанның ҳәр қандай өтиригин әшкаралап, егер биз Оның басқарыўын излесек, керекли батырлықты бере алады. Биз шайтанға өз өмиримизден ҳеш қандай орын бермеў бойынша беккем шешим қабыл етиўимиз тийис (Ефес. 4:27 ге қараң). Биз оған қарсы қуралланып алыўымыз зәрүр (Яқып 4:7 ге қараң). Биз Қудайдан шайтанға қадаған етиўди сорап, жалбарына аламыз (Яҳуда 9). Масихтың төгилген қаны менен бизиң гүналарымыздың кеширилгенине толық исеним билдириўимиз зәрүр (Аян 12:10–11 ге қараң). Топардағы сабақлар Роллерге бөлинип, шынығыў өткизиў: Сиз жазалаў тәртибине ийе елде жасайсыз ҳәм сизиң ақшаңыз да аз. Сизиң елиңизде Мухаддес Китаптың ҳәм руўхый әдебияттың нусқалары жетиспейди. Бир күни сизиң қарым-қатнас топарыңызда сизге ҳақ нийетли ҳәм жыллы шырайлы болып көринген шет елли бир адам пайда болды. Егер оның Батыстағы жәмәәтиниң бир бөлеги болыў шәртине көнсеңиз, ол сизлерге көп ақша бериўди усыныс етти. Егер сиз жаңа жәмәәтлерди аша алсаңыз, ол мол қурбанлық бериўди де ўәде етти. Қаржыны жумсаў бойынша, қатал есап бериўди орнатыў мақсетинде, бериўшилер менен алыўшыларға талапларын дурыс жеткизиў ушын, жергиликли жәмәәт жетекшилери қалай ис тутыўы зәрүр? Кимге ақша бериў керек? Жеке адамға ма, я комитетке ме? Есап бериўдиң қандай қағыйдаларын орнатыў зәрүр? Роллерге бөлинип, шынығыў ислегениңизде, «Материаллық нәрселерден ғәрезли болыўды қалай жеңиўге болады?» деген бөлимде атап өтилген гәплерди киргизиң. Талқылаў ушын сораўлар: 1. Ҳақыйқый айып сезимин өтирик айып сезиминен қалай айырса болады? 2. Егер сиз өз гүнаңызды мойынласаңыз, ҳақыйқый айып сезимине не болады? 3. Пуқаралық ҳүкиметтиң шегаралары тысында қандай ҳақыйқат бар? 4. Исениўшилердиң ҳәмме нәрсеси ортақ болғанындай, сизиң диний топарыңыз ерте заманлардағы жәмәәттей қәўимлик турмыс кешире ала ма? 5. Олардың бул қәўимлик турмысы қандай болыўы мүмкин? Он биринши бап Руўхый урыс Бизиң урысымыздың қураллары дүньяға тийисли қураллар емес, ал душпанның беккем қорғанларын қыйрататуғын Қудайдың қүдиретине ийе болған қураллар. Коринфлилерге 2-хат 10:4 Бурын мусылман болған бир филиппин шопаны Филиппинниң қубла бөлегиндеги Минданао атаўында жасайды. Бир ўақытлары ол жынаятшылар топарының белгили басшысы болып, тонаўшылық ҳәм адам өлтириў ислери ушын бир неше жыл қамақта отырған еди. Ол қамақта Ийса Масихқа исенди. Қамақтан азат болғаннан соң, ол Масихқа басқа мусылманларды соншелли табыслы түрде алып келе баслағанлықтан, мусылман экстремистлери оның он төрт жасар қызын урлап кетти. Олар егер ол Хош Хабар айтқанын тоқтатып, мусылман динине қайтса, қызын қайтып бериўди ўәде етти. Бул шопан ҳаялы менен бирге күшли түрде дуўа етип, Қудайдан қорғаўды сорады ҳәм көп узамай, бул абай етиўге жуўап ретинде ҳеш қандай келисимге келмеўи тийис екенлигин түсинди. Үш жыл даўамында ол жойтылған қызы ушын күшли түрде дуўа етип келди. Ол былай дейди: «Олардың мениң қызыма не қылыўы мүмкин екениниң соншелли қорқынышлы болыўына қарамастан, мен Қудайдан басқа ҳеш кимнен қорпадым! Мен ҳәммеден қызым ҳәм даўам етип ўаз айтыўым ушын дуўа етиўди сорадым». 1995-жылдың басында, ол ақырында қызынан хат алды. Қыз ата-анасына өзин бузықшылық етиў ушын қоңсылас Шығыс Малайзияға сатып жибергенин айтып берди. Бирақ Қудай оған хожайынларынан қашып кетиўге жәрдем берди. Малайзиялы бир мийримли хожалық қызды үйинде жасырып қойған. Сол жерде қыз бир жигитти жақсы көрип қалып, олар турмыс қурған екен. Қыз ата-анасы менен исенимли жерде жасырын ушырасыў ушын келисти. Өйткени урысымыз қан ҳәм еттен ибарат болған адам баласына қарсы емес, ал бул дүньядағы көзге көринбейтуғын ҳәкимлерге, бийлеўшилерге, бул қараңғы заманның күшлерине ҳәм аспандағы жаўыз руўхларға қарсы (Ефес. 6:12). Алдынғы бетлерде биз душпанымыздың минез-қулқын изертлеп шықтық. Ал енди болса, биз өзимиз оған қарсы алып баратуғын гүрести үйрениўимиз керек болады. Әпиўайы урыста урысыўшы тәреплерди ҳәр түрли кийим кийгенине қарап айырыўға болады. Қурал-жарақты та жеңил айырыўға болады, ал алдынғы сызығы қарсылас тәреплердиң жайласқан орнын көрсетеди. Деген менен, партизан урысы жағдайында, ҳәммеси еле де мүшкилирек. Душпанның қай жерде екенин айтыў қыйын. Ол ҳәмме жерде болыўы ҳәм ҳеш жерде болмаўы мүмкин. Бизиң айырып билиўимизге жәрдем беретуғын душпанның айрықша белгилери жоқ. Душпанның қуралы үйинде, көлигинде, ҳәтте, денесинде жасырылған болыўы мүмкин. Урыс ҳәрекети узақ ўақытқа созылыўы ҳәм онда көп адамлар қурбан болыўы мүмкин. Бундай урыс руўхый түскинликти пайда етиўи ҳәм шешиўши жеңисти көп мәнисте мүмкиншиликсиз қылыўы итимал. Руўхый урыс көбинесе партизан урысын еске түсиреди. Сол себептен, руўхый урысларды алып барыў жүдә қыйын. Ҳәтте, көплеген масихыйлар руўхый урысқа араласқанын түсинбейди де. Я болмаса, олар теориялық жақтан руўхый урыс ҳаққында биледи, бирақ оған үлкен әҳмийет қаратпайды. Егер биз өзимиздиң ҳақыйқый ҳәм көзге көринетуғын дүньямызда ҳәрекет етиўши көринбейтуғын күшлерди тән алмасақ, егер ылайықлы түрде қуралланбасақ, онда биз урысты алып барыўға пүткиллей таяр болмай шығамыз. Ҳақыйқаттан да, душпанды айырып билиў жүдә қыйын ҳәм оның шебер жетекшилиги көплерге белгисиз. Сонлықтан көп масихыйлар буны түсинбей-ақ, жеңилиске ушырайды. Солай болса да, биз усы урыс ушын туўылғанбыз. Биз аспаннан туўылыўға ерискенимизде, дәрҳал-ақ, ҳақлық формасын кийип, аспан әскерлери Көсеминиң Өзиниң басқарыўында урысқа барыў ушын, қуралландық (Забур 22:5 ке қараң). Ҳақыйқый урыста қатнасыўшы исениўшилер сыпатында, биз өз дыққатымызды бул урыстың жинлерге тийисли көз-қарасына емес, ал тири Қудайға қаратыўымыз тийис. Биз душпан жолымызға қойған алағада қылыўшы нәрселерге тынышымызды алатуғын сүйир шыбынға қатнас жасағандай қатнас жасаўымыз зәрүр. Олай болмаса, шайтан ҳәм оның хызметшилери бизиң дыққатымызды шалғытып, дыққатымызды оларға ҳәм олар басқаратуғын көзге көринетуғын дүньяға қаратыўға ериседи. Бирақ бизиң дыққатымыз Қудайдың көзге көринбейтуғын басқарыўына қаратылыўы керек (Ефес. 2:6; Коринф. 2-х. 4:18 ге қараң). РУЎХЫЙ УРЫСТЫ АНЫҚЛАЎ Руўхый урыс космослық келиспеўшилик болып, ол Қудайдың Патшалығы менен шайтан патшалығы арасында болып өтеди. Есте сақлаң, биз жеңис ушын урысатуғын еки тең ҳуқықлы патшалықлар туўралы айтып атырған жоқпыз. Шайтан тек жаратылған жанзат ғана. Ал Масих болса, пүткил күш ҳәм бийликке ийе. Шайтанның бийлиги атанақ ағашта қыйратылған еди. Елши Павел биз ушын Колосалыларға жазған хатта (2:15) төмендеги сөзлерди жазған еди: «Ол руўхый ҳәкимлер менен бийлеўшилерди қуралсызландырды. Оларды Масихтың атанақ ағаштағы өлими арқалы жеңип, көпшиликтиң көз алдында масқара етти». Солай етип, ҳәзирги күнде шайтан ийе болған жалғыз бийлик оның адамларды алдаўынан, Қудайдың даңқын көрмеўи ушын, оларды соқыр қылыў қәбилетинен ибарат (Коринф. 2-х. 4:3–4 ке қараң). Шайтанның тийкарғы шебер жетекшилиги бөлиў ҳәм ҳүкимдарлық етиўге деген умтылысынан ибарат. Оның негизги усылы — айыплаў, алдаў, аспандағы Әкемиз ҳәм бир-биримиз бенен болған қарым-қатнасымызды үзиўден ибарат. Ол адамзатты қараңғылықта қалдырыў ушын, Қудайға тийисли қоршаған орталықты ипласлаўда адамларды жеделлик пенен басқарады. Сол себептен, уллы тапсырманы орынлаў ушын, Масихтың денесинде бирлик соншелли зәрүр болып табылады. Бул дүньяның былғасығында адасқан исенбейтуғын адамлар өзин өзи қыйратыўға алып барыўшы, шөлкемлеспеген адамлар менен қарым-қатнас қылыўды қәлемейди. Ийса Масихтың жәмәәтин сүйиспеншилик басқарыўы тийис. Биз набыт болып атырған дүнья ушын пана, қәўипсиз орын болыўымыз керек! Ал енди руўхый урысты алып барыўдың барлық басқышларын изертлеп шығайық. ЖИНЛЕРДИҢ КҮШИНЕН ҒӘРЕЗЛИ БОЛҒАН АДАМНЫҢ РУЎХЫЙ УРЫСЫ Адамның ҳәрекетлери ямаса жағдайы төмендегише болса, жинлер адамға тәсир жасаў бойынша нызамлы ҳуқық алады. • билип турып исленетуғын гүна (Рим. 3:9–12); • бутқа табыныў яки бутқа табыныўшылық ислери (Ел. исл. 19:18–19); • жинлердиң басқарыўы (Марк 9:17–27); • ата-бабадан қалған ямаса туқымда болған наҳақлық (Санл. 14:18). Марк жазған Хош Хабарда (1:21–28) Ийса бизлерге жинге шалынған ҳәм өзин азаплаған жинлерден қутылған адам ҳаққында сөз етип былай деген еди: «Олар Капарнаҳум қаласына келди. Дем алыс күни болғанда, Ийса дәрҳал мәжилисханаға кирип, адамларға тәлим бере баслады. Адамлар Оның тәлимине таң қалысты, себеби Ол диний муғаллимлер сыяқлы емес, ал Өз бийлиги менен тәлим берди. Сол ўақытта олардың мәжилисханасында жаўыз руўхлы бир адам болып, ол: — Насыралы Ийса! Бизлер менен не жумысың бар? Сен бизлерди жоқ етиўге келдиң бе? Сениң ким екениңди билемен, Сен — Қудайдың Мухаддесисең! — деп бақыра баслады. Бирақ Ийса жаўыз руўхқа кейип: — Үниңди өшир де, оннан шығып кет! — деди. Жаўыз руўх адамды қалтыратты да, қатты бақырып, оннан шығып кетти. Ҳәмме таң қалысып, өз ара: — Бул не? Бул қандай қүдиретли жаңа тәлиймат? Оның буйрығына жаўыз руўхлар да бойсынады-ғо, — дести. Ийса ҳаққында хабар тез арада пүткил Галила үлкесиниң ҳәмме жерине тарқалды». Бул үзиндини оқый отырып, мыналарға дыққат аўдарың: Жаўыз руўхқа шалынған адам мәжилисханада исениўши адамлар менен бирге болды. Бизиң шамалаўымызша, ол Қудайды излейтуғын адамлар қатарына жатқан. Мәжилисханаға келместен алдын, жинге шалынған бул адам өзин қолайлы сезген болыўы мүмкин. Қудайдың нуры пайда болғанда, қараңғылық серпиле баслады! Сол адам жан айбатта қышқырып жиберди. Өйткени жаўыз руўх ҳүким етиў ўақты келгенин дәрҳал түсинди. Ийса руўхқа өзин тыныш тутыўды ҳәм адамнан сыртқа шығып кетиўди буйырды! Биз бул бахытсыз адамларға еси дүзиў емес адамларға қарағандай қарамаўымыз тийис. Мүмкин, бизиң қоңсыларымыз, жәмәәттеги досларымыз яки хожалық ағзаларымыз усындай жағдайда шығар. Ийса сол адамды азаплаўшыдан азат етиўди қәледи ҳәм Ол оны пәс көрмей, уялтпай, усылай иследи де. Ийса пайда болған ўақыяға писент етпей қараған жоқ, ал оны тез шешти. Ол мийрим-шәпәәтке толып тасқан еди ҳәм адамды азат ҳалында көргиси келди. Ийса мәжилисханаға барып жүрген адамның не ушын жинге шалынғанын түсиндирип отырмады. Жаўыз руўхлар қозғалаңшы болады. Ийса руўхқа үндемеўди буйырса да, ол бәлент даўыс пенен бақырып болып, кейин адамнан шығып кетти. Корея шопаны, ҳәзирет Дейвид Йонгги Чo (David Yonggi Cho) дүньядағы ең үлкен жәмәәтлердиң бириниң жетекшиси болып, ол белгили бир шыпакердиң ҳаялы болған сулыў ҳәм билимли ҳаял ҳаққында сөз етеди. Ҳаял он жыл даўамында ләң болды ҳәм күйеўи ҳаялының шыпа табыў жолларын излеп, көп ҳәрекет етти. Ақырында, ҳаял шопан Чоның жәмәәтине бара баслады. Бир күни ерте азанда болатуғын дуўа етиў жыйналысында, ҳаял бирден орнынан турып, қандай да бир жағымсыз, тәбийғый емес сеслерди шығара баслады. Кейин шайтанның күлкиси еситилди. Масихыйлар қорыққанынан бөлмеден қашып шықты. Шопан Чо ҳаялға бундай исти тоқтатыўды буйырғанда, ол кегирдектен шыққан қопал бир даўыстың былай дегенин еситти: «Бүгин бизлер сени өлтиремиз!» Сонда шопан Чо: «Сизлер кимсиз?» — деп сорады. Кегирдектен шыққан даўыс: «Бизлер жинлермиз!» — деп жуўап берди. Сол ўақытта ҳаял шопанның басына урып жиберип, оны жерге жығылтты. Шопан Қудайға: «О, Ийем, маған Өз қаныңды серпе гөр», — деп жалбарынды. Кейин ол ҳаялға бурылып қарап: «Ийса Масих аты менен буйыраман: сен, шайтан, бул жерден жоқ бол!» — деп буйырды. Кегирдектен шыққан даўыс: «Бизлер көппиз ҳәм бизлер шықпаймыз! Бүгин сен жеңилдиң!» — деп жуўап берди. Шопан Чо төрт саат дуўа етти. Соң ҳалдан кеткен ҳалда отырып қалды. Кейин ол және төрт саат даўамында дуўа етип, жинлерге Ийсаның аты менен шығып кетиўди буйырды! Далада әлле қашан қараңғы түсип қалған болып, шопан сегиз саат даўамында болған руўхый урыстан кейин, руўхый түскинликти сезди. Ол жалбыранған даўыс пенен Ийсаға жалбарынды ҳәм сонда өзиниң ишинде Мухаддес Руўхтың сөйлегенин сезди. Сонда шопан және буйырып сөйледи, бул рет бәлент ҳәм бийликке ийе даўыс пенен: «Сизлерге Ийса Масих аты менен шығып кетиўди буйыраман», — деди. Ҳаял қышқырып жиберди ҳәм ол қусып таслады. Дәслеп ол еденде аўнап жатты, кейин тым-тырыс болып қалып, өли сыяқлы болып жатты. Соң ҳаял көзлерин ашып: «Шопан, мени кешириң. Мен өзим менен ҳеш нәрсе ислей алмадым. Жинлер бир-бирине сизиң жүдә тәжирийбесиз екениңизди ҳәм егер өзлери тайсалмай турса, жеңиске ерисе алатуғынын айтысты. Урып таслағандай болып, пүткил денем аўырып тур. Бирақ енди мен азатпан», — деди. Ҳаял және бақыра баслады. Бирақ ләң кеселлиги жоқ болып кеткенликтен, ол бул сапары қуўаныштан бақырып турған еди. Бул кәрамат нәтийжесинде ҳаялдың күйеўи өз өмирин Ийемизге бағышлады. * * * Бутларға байланыслы руўхый урыс жинлердиң күшлерине қарама-қарсылық болып табылады. Руўхый урыстың бул дәрежеси әдетте басқаларына қарағанда қаталлырақ. Жәбир шеккен бир адамлар азғырылыў себепли жинлерден ғәрезли болып қалған, ал басқалары шайтаннан ашық түрде күш сораған. Елшилердиң ислери китабында (16:16–23) Павел ҳәм палкерлик пенен шуғылланатуғын жаўыз руўхлы бир қыз туўралы оқыймыз: «Бир күни бизлер дуўа ететуғын жерге баратырғанымызда, палкерлик пенен шуғылланатуғын жаўыз руўхлы бир шорыға дусластық. Бул қыз палкерлик пенен хожайынларына көп пайда келтиретуғын еди. Ол Павел менен бизлердиң изимизге түсип: — Бул адамлар — Қүдиретли Қудайдың хызметшилери, олар сизлерге қутқарылыў жолын жәриялап атыр! — деп бақырып жүрди. Бул көп күн тәкирарланды. Ақырында Павелдиң жанына тийип, ол арқасына бурылды да, қыздың ишиндеги жаўыз руўхқа: — Ийса Масих аты менен буйыраман: оннан шығып кет! — деди. Шорының хожайынлары пайда көриўден үмитлериниң үзилгенин билип, Павел менен Силаны услап алды да, базар майданындағы басшыларға сүйреп апарды. Оларды Рим ҳәкимлериниң алдында турғызып: — Мына яҳудийлер қаламызды астан-кестен етпекте. Биз римлилерге қабыл етиўге де, орынлаўға да болмайтуғын үрп-әдетлерди жәриялап жүр, — дести. Халық та оларға қосылып, елшилерге қарсы шықты. Ҳәкимлер Павел менен Силаның кийимлерин жыртып шештирди де, таяқ пенен сабаўға буйрық берди. Оларды көп сабатқаннан соң, қамаққа салдырды ҳәм қамақхана хызметкерине оларды жақсылап қараўыллаўды буйырды». Дыққат аўдарыңлар: Павел ҳәм Сила дуўа етиў орнына баратырғанда, оларға қыз ушырасып, өз аянларын қышқырып айта баслады. Мухаддес Китапта оның буны көп күнлер даўамында ислегени айтылған. Душпан дуўа етиўден дыққатымызды бөлиўди жақсы көреди. Павел қыздың сыйқыршылық руўхына шалынғанын билетуғын еди. Қыз ол туўралы айтқанда, дурыс сөзлерди айтқан еди. Бирақ биз қызда сөйлеп турған шайтанның мақсети неден ибарат екенин түсиниў ушын, көзге көринетуғын белгилерден де узағырақты көре билиўимиз тийис. Ол Павел ҳәм Силаның хабарын бийабырай қылыўды қәлеп, қыздың пайғамбаршылық қылыў тийкары менен елшилер ислеген кәраматлардың тийкары бир болғандай қылып көрсетти. Солай етсе, ол Хош Хабардың ҳәм елшилердиң абырайын төге алған болар еди. Павел қыздың жаўыз руўхқа ийе екенин билди. Бирақ Павел Қудай өзине қызға деген мийрим-шәпәәт ҳәм жаўыз руўхты қуўып шығарыў ушын руўхый бийликти қолланыўға буйрық бермегенинше, қызды тоқтатыўға ҳәрекет етпеди. Биз анық бир сораў бойынша аянға ийе болсақ, ҳәтте, өзимиздиң руўхый бийлигимизди түсинсек, бул бизде ҳәрекет етиўге рухсат бар дегенди аңлатпайды. Диагноз ҳәрекет етиўге буйрық дегени емес! (Лука 10:19 ға қараң). Және еки өмир тарийхына қарап көрейик. Олар заманагөй тарийхлар болып табылады. Канададағы кишкене консерватив қалада шайтанның жәмәәти бар. Күнлердиң биринде, шайтаншылардың аймақлық жыйналысында усы қаладағы шайтанның жәмәәти өзиниң көрнекли жетискенликлери ушын айрықша сыйлықланды. Сол жылы шайтаншылар өз қаласындағы Хош Хабаршы жетекшилердиң жоқ қылыныўы ушын алдын ала дүзилген дизим бойынша дуўа етти. Олар жетекшилердиң әдеп-икрамсыз ислерди ислеўин ҳәм олардың хожалығының бузылыўын сорады. Тек бир жыл ишинде ең күшли масихый жетекшилер қатарындағы бесеўи өз хызметин таслап кетиўге мәжбүр болды. Шама менен сол ўақытта самолетте ушып баратырып, бир бизнесмен қасындағы адамның түски аўқатты жемегенин байқап қалды. Ол қоңсысынан өзин қалай сезип турғанын сорады. Сол адам ораза тутып жүргенин айтты. — О, демек, сиз де масихыйсыз ба? — деп қызықсынды бизнесмен. Сол адам жуўап берип: — Яқ. Мен шайтанның шәкиртимен. Бизлер бес жүз масихый хожалықты бузыў ушын ораза тутып, дуўа етип атырмыз! — деп жуўап берди. Индонезияның алыс аўылларында ислеўши азиялы елшилер аўырыў ҳаял ушын Ийсаның аты менен дуўа еткеннен соң, Қудай оған кәраматлы шыпа бергенде, елшилерге бутқа табыныўшылық күшлерине дуўшар болыўға туўра келди. Жергиликли дуўахан истиң усылай баратырғаны себепли тәшиўиште еди. Елшилер сол аўылға және келгенде, дуўахан оларды күш сынасыўға шақырды. Ол өзиниң түсиниги бойынша ғайрытәбийғый күштиң тийкары болған қолындағы жүзигин шешип, оны ески ағаш столға қойды. Кейин ол: «Келиңлер, ҳәр биримиз өз қудайымызға дуўа етейик. Қайсы қудай жүзикти шыр гүбелек қылып айландыра алса, сол ең қүдиретли болғаны ҳәм сонда жеңилип қалған қудайдың избасарлары аўылдан шығып кетиўи ҳәм енди қайтып келмеўи керек. Мен биринши болып баслайман», — деди. Мысқыллы күлки менен бас дуўахан орнынан турмай-ақ, отырған жеринен жүзикке тигилип қалды. Жарысты бақлап турған масихый елшилердиң көз алдында жүзик айлана баслады. Соң олардың гезеги келди. Сол ўақытта кишкене топар: «Ол — Ийемиз», — деп әсте қосық айтып турған еди. Елшилердиң жетекшиси бәлент даўыс пенен дуўа етип, Қудайдан Өз күшин көрсетиўди ҳәм Өз күдирети менен үстинлигин дәлиллеўди сорады. Жыйналғанлардың ҳәммесин лал қалдырған нәрсе — бас дуўахан да жүзик пенен бирге қосылып айлана баслады. Дуўахан жан айбат пенен қышқырмағанша, айланыў кем-кемнен күшейип бара берди. Ол Жоқары күштен өзин айландырыўды тоқтатыўды өтинип сорады. Жеңилип қалған дуўахан аўылды мәңгиге таслап кетти ҳәм сол күни кешкурын руўхый жекпе-жекликтен соң, аўылдың көп турғынлары Масихқа келди. * * * Масихый жәмийетте «территория руўхлары», яғный руўхый урыс тараўы ҳаққында тәлийматқа деген үлкен қызығыўшылық бар. Ол белгили географиялық аймақта руўхый бийликлер ҳәм ҳәкимликлерге қарсы алып барылады. Бул жаўыз руўхларды биз жақсы билиўимиз ҳәм атларын анықлай алыўымыз тийис. Даниел пайғамбардың китабынан (10:12–14) көринип турғанындай, белгили бир жаўыз руўхлар қандай да бир жерлерге «бекитилген» болса керек. Бирақ Мухаддес Китапта бул жаўыз руўхлар менен қарым-қатнас қылыўямаса олар менен қарым-қатнас жасаўды буйырыў бойынша ҳеш қандай мысалллар жоқ. Мысалы: Даниел белгили бир халықлар менен байланыслы руўхый ҳәкимшиликлердиң набыт болыўы ушын дуўа етпеди. Ал ол Өзиниң ғәрезсиз бийлиги менен бул, я ана жерлердеги ҳүкимдарлар менен урысыў ушын периштелерди жибериўди Қудайдан сорады. Мухаддес Китап муғаллими Клинтон Арнольд (Clinton Arnold) «Елши Павелдиң өзи қараңғылық күшлерин қандай да бир белгили ел ҳәм жерлер менен байланыстырмаған. Мысалы: ол ҳеш қашан Рим яки Коринфти басқарып турған жаўыз күшлерге қарсы урысыўды Қудайдан сораған жоқ. Дурыс, Павел жәмәәтке ҳүжим жасайтуғын ҳәм оның миссиясын орынлаўға кесент бериўши күшли жин эммисарлары бар екенин тән алып, тек Қудайдың күшине исениў арқалы оларды жеңиўге болатуғынын атап өткен еди. Жоқарғы Мысырдағы Луксор қаласы Мухаддес Китап дәўиринде Фиба деген ат пенен белгили болған. Ол Нил дәрьясы жағасында, Каирдың қубласынан сегиз жүз шақырым қашықлықта, Патшалар ойпатлығы деген жерде жайласқан еди. Бул ойпатлықта фараон Туттың ҳәм басқа жоқары лаўазымдағы әййемги мысырлылардың мазары бар. Фиба Еремия пайғамбардың китабында сөз етилген болып, олардың қудайы Аммон еди (Ерем. 46:25 ке қараң). Ол аймақлық руўхый ҳәкимшилик белгилерине ийе болды. Бул қалалардың төрт мың бес жүз жылдан аслам тарийхы даўамында, Ийемизге ораза тутып, Оны алғыслайтуғын дуўа етиўши қандай да бир қәўимниң бир мәртебе болса да, қараңғылық күшлерине қарсы урысқаны ҳаққында ҳеш қандай дереклер жоқ. 2000-жылдың ақырында елдиң қубла аймақларынан (жәмәәт жеделлиги жүдә ҳәлсиз болған жерде) шама менен тәўеллеши жетпис адам Мысыр ушын ораза тутыў ҳәм дуўа етиў ушын жыйналды. Және де, олар Қудайға Аммон қудайы үстинен бийликке ийе болыў ушын дуўа етти. Олар жергиликли табынатуғын жердиң «мухаддес орнына» бир неше рет барып, дуўа етти. Кешқурынлары жергиликли жәмәәтте дуўа етиў жыйналыслары өткизилди. Екинши түнге қарап, Мухаддес Руўх Өзин көрсетти ҳәм сонда онлаған исениўшилер сыйқыршылық ҳәм сыйқырлы рәсимлерде (сол жерлерде жүдә көп тарқалған) қатнасқаны ушын алдыға шығып, тәўбе етти. Хызмет екинши түнниң ярымына дейин созылды ҳәм сол ўақыт даўамында сол тәўеллешилер бөлмениң қурбанлық орын бөлегинде турып, тәўбе етиў, ғәрезли қылып таслайтуғын жаман әдетлер ҳәм хызметке майланыў ушын дуўа етип турды. Аммон руўхының күши сол күни қыйратылғанына тәўеллешилер исенеди. Ийсаның жүрислери шегара руўхлары менен урысыўға да қаратылған усыл болып табылады. Бир аналитик төмендегилерди айтқан еди: «Жабық қапы артында емес, ал көшелерде Қудайды алғыслаў Қудайдың Өз дүньясында ҳүкимдарлық етиў ҳуқықын тастыйықлап, Оның басқарыў зонасын кеңейтеди» Кали қаласы (Колумбия) руўхый урысты изертлеў бойынша және бир әжайып мысал болып табылады. Бул қала пүткил ел бойлап өлим, зорлық ҳәм наркомания бойынша жоқары орында болғаны менен белгили еди. 1998-жылы Колумбияда отыз бес мың адам зорлықлы өлим көрди ҳәм шамалаўынша, олардың саны 1999-жылы қырқ мыңға жетиўи керек еди. Ҳәр бир үшинши адам партизан урысында, үштен еки бөлеги басқа себеплерге байланыслы өлди. Әсиресе жаслар арасында өлиўшилик жоқары еди. Колумбиядағы қозғалаңшылар шама менен үш мың адамды гиреўде услап тур. Олар жынаят ислери себепли келетуғын пүткил кирисин ҳүкиметке қарсы алып барылған отыз бес жыллық урыста сарплап келди. Солай болса да, усы пүткил зорлықлар, наркотиклер ҳәм урыслар арасында Ийса Масихтың жәмәәти өсип, беккемленип бармақта. 1962-жылы доктор Билли Грэм Калиде Қудайға хызмет етиў жыйналысын өткизди. Масихыйлар оның жигирма бес жыл бурын Калидеги стадионда төмендеги пайғамбаршылық сөзлерин айтқанына исенеди: «Мен бүгин азанда уйқыдан турып, бир төбешикте үш атанақ ағашты көрдим, ал басқа төбешикте Масих Патша турған еди. Мен исенемен, Калиде күшли ояныў болады». Биргеликте дуўа етиў Калидеги жәмәәт жетекшилериниң мақсети менен аўырманлығына айланды. Деноминациялар арасындағы биринши түнги дуўа етиў 1995-жылы шөлкемлестирилди. Сол күни түнде масихый болған қала ҳәкими Ийсаны Кали қаласы үстинен Ийе деп жәриялады. Калидеги жәмәәттиң өсиўи таң қалдырады: 1980-жылы қалада отыз, 1990-жылы еки жүз, ал 1999-жылы алты жүз жәмәәт болды. 1999-жылдың августында болса, Кали қаласының төрт жүз шопаны дуўа етиў ушын жыйналды ҳәм дуўа етиў ўақтында, олар Қудайдан ҳәм бир-биринен кеширим сорап, жарасты. Доктор Луис Буш (Luis Bush) бул қалада болып өткен өзгерислер ҳаққында былай сөз етеди: «Бир тәрептен қарағанда, биз қорқынышлы адам урлаўлар туўралы еситемиз, ал басқа тәрептен қарағанда, Ийсаны өз Ийеси ҳәм Қутқарыўшысы қылып қабыл еткен адамлардың саны өсип баратырғанын еситемиз. Бир тәрептен қарағанда, әдеп-икрамсызлық пенен бузықшылықтың өсип баратырғанын, ал басқа тәрептен қарағанда, адамның өмирин толық өзгертетуғын Хош Хабардың күши менен ушырасқаны ҳаққында көплеген гүўалықларды байқаймыз. Бир тәрептен қарағанда, Кали наркотик сатыў бойынша баслы орай болды. Ол әсиресе наркобизнес баронлары қозғалаңшылардың жетекшилери менен келисим дүзгенинен, басқа тәрептен, қала шопанлары арасында әжайып бирлескенлик руўхы пайда болғанынан бери сондай болды. Бир тәрептен зорлық болса, екинши тәрептен Ийса Масихты өзиниң жеке Қутқарыўшысы қылып қабыл еткен көп колумбиялыларда Қудайдың тынышлығы бар». Доктор Буш былай деп қосып қояды: «Мен жаңа ғана Калиден келдим ҳәм маған Латын Америкасында Қудай сөзиниң ўаз етип айтылыўының мәдениятлар аралық аянын көриў қуўанышлы. Жума күнинен алдынғы түн айрықша жарылқаў болды. Сол күни стадионда қырқ мыңдай исениўши жыйналып, олар қала ҳәм ел ушын Қудайға дуўа етти. Көплеген басқа исениўшилер де болып, олар орын жетпегенликтен, сыртта турды. Түнги дуўа етиў ўақтында, айырым адамлар кетип қалды ҳәм олардың орнын басқа адамлар ийеледи. РУЎХЫЙ УРЫСТЫ ҚАЛАЙ АЛЫП БАРЫЎ КЕРЕК? Бул тақырыпты үйрениўде, руўхый урыстың дәрежелериниң әҳмийетин көбирек баҳалаў бойынша азғырыў пайда болыўы мүмкин. Бул тәлийматтың қандай да дәрежеде тартыслы болыўы мүмкин екенин түсинемиз. Соның менен биргеликте, биз адамның гүнакарлығын ақламаўымыз, адамларды көзге көринбейтуғын күшлердиң қурбанлары деп есапламаўымыз тийис. Себеби оларды өз ислери ушын Қудай алдындағы әдеп-икрамлық жуўапкершиликтен ҳеш ким айырған жоқ. Бизиң мәселемиз буннан ибарат емес. Және де, биз руўхый ҳәкимшиликлерге қарсы урысқа шақырмаймыз. Деген менен, биз өзлеримиз араласқан руўхый урыстың барлық майда-шүйделерин толық түсинип жетиўимиз ҳәм гүресшең дуўа етиўдиң ылайықлы тәреплерин ҳәм руўхый ғәрезликтен азат болыўды түсиниўимиз зәрүр. Келеси бапларда биз өзлеримизде болған күшли руўхый қуралды ҳәм оны пайдалы түрде қолланыўды дыққат пенен изертлеп шығамыз. Тағы да, Масихқа бутқа табыныўшылық дүньясынан ҳәм басқа наҳақ орталықтан келген адамлар менен не қылыў кереклигин билиўимиз тийис. Бундай адамлар шәртли түрде пәклениўге мүтәж. Биз Қудайға дуўа етип, қараңғылықты басқарыўшы күшлердиң әшкараланыўын ҳәм жеңилиўин сорағанымызда, аймақлар ҳәм өзлеримиз жасайтуғын қалалар ушын гүресшең түрде дуўа етиў де зәрүр. Сонда исенбейтуғын адамларға, яғный ересек адамларға да, балаларға да Хош Хабарды еситиў ушын ақылларын «соқыр қылыўшы» нәрсе жоқ болып кетеди. Деген менен, ҳәзирги ўақытта, руўхый урыс шайтан менен жинлердиң қорғанына дуўа етиў арқалы туўрыдан-туўры ҳүжим жасаўдан ибарат екени ҳаққында пикирлер үстемлик етеди. Негизинде, руўхый урыс тек буның менен шекленип қалмайды. Ол Қудай Патшалығының жоба ҳәм мақсетлерине сай келетуғын ҳәр қандай ҳәрекетти өз ишине алады. Биз шайтанға қарсы қолланатуғын тәсирли қураллардың айырым түрлери төмендегилерден ибарат: • тәўеллешилик (Ийшая 62:6–7); • алғыс ҳәм сыйыныў (2-Шежире 20:21–22; Забур 67:1–36); • өмирден гөре, Қудайға деген сүйиспеншиликке көбирек ийе болыў; • ораза (Ийшая 58:6); • Ийемизге жақынлаў (Забур 83:1–4); • қарама-қарсылық (Яқып 4:7); • кәраматлар ҳәм кәраматлы нышанлар менен биргеликте, жеке Хош Хабар айтыў (Ел. исл. 16:16–40). Бизиң урысымыз руўхый болғанлықтан, биз бул урыста қолланатуғын қурал да руўхый болыўы тийис. Топардағы сабақлар Роллерге бөлинип, шынығыў өткизиў: Сиз қарым-қатнас топарыңызда дуўа етесиз. Тосаттан қатнасыўшылардың бириниң жаўыз руўхқа шалынғаны мәлим болады. Сиз не ислеген болар едиңиз? Бул бахытсызды азат етиўди сиз қанша ўақыт даўамында талап етиў нийетиндесиз? Сиз бул машқаланы өзиңиз шеше алмайтуғын болсаңыз, кимди жәрдемге шақырған болар едиңиз? Сол адамның жиннен толық азат болыўы ушын гүресиў шәрт пе? Талқылаў ушын сораўлар: 1. Руўхый урыстың ҳақыйқый екенлигин толық түсине аласыз ба? Бул машқаланы түсиниў дәрежесин көтериў ушын, сиз ҳәм сизиң қарым-қатнас топарыңыз не ислей аласыз? 2. Сиз өз аймағыңызда шайтаншылар бар екенин билесиз бе? Олар ҳаққында сизиң қарым-қатнас топарыңыздың ағзалары биле ме? Бул мағлыўмат сизиң биргеликте ететуғын дуўаңызды қалай өзгерте алады? 3. Масихыйда шайтанның күшлеринен қорқыўға тийкар бар ма? Жол-жорық: Келеси бөлимге өтпестен алдын, Ефеслилерге жазылған хаттың 6-бабын оқып шығың. IV БӨЛИМ Мүмкиншиликлер ҳәм қорлар Он екинши бап Қудайдың саўыт-қураллары Шайтанның ҳийлелерине қарсы тура алыў ушын, Қудайдың барлық саўыт-қуралларын тағыныңлар. Ефеслилерге 6:11 Саўаш майданында дәў турған еди. Оның бойы еки метрдей болып, ол Қудайдың халқына қарата қорқытыўшы сөзлерди айтып турған еди. Ол Қудайдың да үстинен күлип: — Араңыздағы бириңиз маған қарсы шықсын. Егер мен оны жеңсем, сизлер бизлерге хызмет ететуғын боласыз. Егер ол жеңсе, бизлер сизлердиң қулларыңыз боламыз, — деп гүркиреп даўыс шығарды. Голиаттың өзи ҳәм оның күши де емес, ал бул урыста жеңилип қалса, Израилды қандай тәғдир күтип турғаны қорқынышлы еди. Урыс пүткил Израил халқы ушын я толық жеңис, я толық жеңилис пенен жуўмақланыўы керек еди. Бул саўаш бут қудайлар ҳәм Израил Қудайы арасында жарысқа айланыўы тийис болды. Батыр Даўыт усы бәламатқа қарсы шығыўға қарар етти. Шаул патша жас әскердиң күш жағынан ҳәлсиз екенлигине көзи жетип, Даўытты өзиниң саўыт-қуралларын тағып алыўға үгитледи. Бирақ Даўыт болажақ руўхый саўаш көзге көринетуғын урыстан анағурлым әҳмийетлирек екенин билетуғын еди. Оны күшли қурал емес, ал тек Қудайға деген исеним ғана қутқара алатуғын еди. Даўыт Қудайдың аты менен шыққанда, дәў қулап, сеспей қатты. Бизиң көпшилигимиз физикалық жағдайларға соншелли дыққатымызды қаратқанлықтан, алдымыздағы руўхый қыйыншылықлар менен машқалаларды көрмеймиз. Биз бирин екиншисине жеткизиў ушын жан-тәнимиз бенен тырысамыз. Биз шексиз жумыс ҳәм хызметтен ҳалдан таямыз. Көзге көринетуғын дүнья бизди қорқытады ҳәм бизге үлкен басым көрсетеди. Сонлықтан биз дәў душпанды жоқ қылыў мүмкиншилигин қолдан берип қоямыз. Нәтийжеде ол аяғы менен мойнымызды басып, бизди қыймылдатпай қояды. Қудай бизди Өзиниң хызметтеги әскерлери сыпатында руўхый қурал ҳәм барлық мүмкиншиликлер менен тәмийинледи. Душпанға соққы берип, Оның Патшалығы ушын уллы жеңиске ерисиўде олар бизлерге зәрүр болады. Сонлықтан жаман күнде оларға қарсылық көрсете алыўыңыз ушын ҳәм толық жеңиске ерискениңизден соң, беккем тура алыўыңыз ушын, Қудайдың барлық саўыт-қуралларын тағып алыңлар (Ефес. 6:13). Павел исенимге жақында келген масихыйларға Қудайдың ҳеш нәрсе өткизбейтуғын саўыт-қуралларын тағып алыўды нәсият еткен еди. Жолымызда ушырасатуғын ҳәр қандай жағдайларда беккем тура алыўымыз ушын, Қудай бизлерди олар менен тәмийинлеп қойыпты. Және де, дене жарақатлары ашшы түбир болып, жанды бузбаўы ушын, Қудай Өзиниң саўыт-қуралларын ақыл ҳәм руўх ушын қорғаныш ҳәм пана болыўға арнаған. Ефеслилерге жазылған хатта (6:10–18) Павел руўхый урысты алып барыў ушын бизлерде болған мүмкиншиликлер ҳаққында классикалық тәлийматты қалдырған еди. Ал 14-аятта Павел руўхый саўыт-қураллар ҳаққында айтып, салыстырыў ушын рим әскери кийинген ҳәм тағынған нәрселерди қолланады. Солай етип, орныңызда беккем турыңлар. Белиңизди ҳақыйқат белбеўи менен буўып, көкирегиңизге ҳақлық саўытын кийиңлер. Булардың ҳәммесине қоса шайтанның барлық отлы оқларын өшире алатуғын исеним қалқанын қолларыңызға алыңлар. Қутқарылыў дуўлығасын ҳәм Қудайдың сөзи болған Мухаддес Руўхтың қылышын алыңлар. Ҳәр түрли тилек ҳәм жалбарыныў менен, Мухаддес Руўхтың басқарыўында ҳәмме ўақыт дуўа етиңлер. Усы мақсет пенен сергек болып, пүткил исениўшилер ушын табан тиреп сораңлар (Ефес. 6:14–18). ҚУДАЙДЫҢ САЎЫТ-ҚУРАЛЛАРЫ / БИЗ … ҲАҚҚЫНДА ҲАҚЫЙҚАТТЫ БИЛЕМИЗ / МУХАДДЕС ЖАЗЫЎДАН АЛЫНҒАН ТАСТЫЙЫҚЛАЎШЫ АЯТЛАР ҲАҚЫЙҚАТЛЫҚ белбеўи / Қудай (Ийса) — Оның ғәрезсизлиги, сүйиспеншилиги, даналығы ҳәм мухаддеслиги / Нызам. қайт. 4:39; Забур. 22:1; Забур 17:3 ҲАҚЛЫҚ саўыты / Бизиң жеке ҳақлығымыз Ийса Масих ҳәм Оның қаны / Забур 99:3; Рим. 3:23–24; 6:23; Галат. 2:20–21; Филип. 3:8–10 ТЫНЫШЛЫҚ аяқ кийими / Ишки дүнья ҳәм Ийса Масих пенен жеке қарым-қатнасымыз арқалы… таярлық / Рим. 5:1; Ефес. 2:14; Юхан 14:27; 16:33; 20:21 ИСЕНИМ қалқаны / Қудайға ҳәм Оның сөзине бәрқулла исенип, исеним менен жасаў… / Рим. 4:18–21; Евр. 11:1; Петр. 1-х. 1:6–7 ҚУТҚАРЫЛЫЎ дуўлығасы / Қудайдың ўәделери Ийса Масих арқалы ҳәр күни ҳәм мәңгиге қутқарылыў / Ҳәр күнге: Забур 15, 22; Евр. 1:3–6; мәңгилик ушын: Коринф. 2-х. 4:16–18; Салоника. 1-х. 4:17; Юхан. 1-х. 3:1–3 РУЎХ қылышы / Руўхый азғырылыў ҳәм айыплаўларға қарсы тура алыў ушын Қудайдың сөзиниң күши / Евр. 4:12; Матта 4:2–11; Петр. 1-х. 3:15; Забур 118:110–112 РУЎХЫЙ ҚОРҒАНЫЎ САЎЫТ-ҚУРАЛЛАРЫ Бул үзиндиден Қудайдың руўхый қуралының қорғаныўшы характерге ийе екенин билемиз. Солай болса да, оның айырым бөлеклери ҳүжим ушын да қолланылыўы да мүмкин (мысалы: аяқ кийим ҳәм қылыш). Кейин ала биз ҳүжим жасалатуғын қуралдың усы еки түрин изертлеп шығамыз. 1. Ҳақыйқатлық белбеўи Әскердиң жуўан тери белбеўинде оның қуралы илдирилген. Жақсылап қайырылған белбеў кийимниң қолайлы ҳәм исенимли заты болды. Тағы да, белбеўде қылыш ҳәм пышақ ушын қынап болған. Белбеў кийимди белгили ҳәм қол жетер жерде сақлаўға жәрдем еткен. Ҳақыйқат бизиң руўхый өмиримизде ҳәмме нәрсени белгилеп береди. Нениң ҳақыйқат, нениң жалған екенин ҳақыйқатты билмей турып билиўимиз мүмкин емес. Биз бәрқулла алып баратуғын руўхый урыста Өзи Ҳақыйқат болған (Юхан 14:6 ға қараң) Ийса Масихты «кийип аламыз». Биз Ийса Масихты, яғный Ҳақыйқатты жәриялай турып, жүриўимиз, сөйлеўимиз ҳәм «гүресиўимиз» мүмкин. Басқа турмыста қолланыў мәнисинде, белбеў дәлиллерди тапқаннан кейин ҳақыйқатты излеўден де үлкенирек нәрседен ибарат болып табылады. Қудайдың саўыт-қуралларын өз үстине кийиўши Масихтың хызметтеги әскери ҳақыйқатты табыў ушын өзиниң надурыс пикирлерин жеңе алыўы тийис. Ол артықмаш ойлар менен жубататуғын өзиндеги менменлик пенен гүресиўи, оларды өзиниң қайта ойланып көриўине жол қоймай, керек болса, өз көз қарасын да өзгертиўи зәрүр. Ҳақыйқат белбеўин тағып жүриў адамның пүткил тәбиятын бир пүтин бирлик қылып бириктиреди. Ҳақыйқатлық белбеўи адамның өз наҳақлығын, ҳәлсизлигин ҳм гүнаға бейимлигин нәзерде тутады (Матта 7:4; 15:19 ға қараң). Даўыт патша: «Сен адамның кеўлинде шынлық болыўын қәлейсең, жан дүньяма даналық үйрет», — деген еди (Забур 50:8). Сонлықтан әскер болған хызметши бәрқулла бойсыныўшы руўхқа ийе болыўы, Қудайдан кишипейиллик сораўы ҳәм ҳақлыққа ерисиўди қатты қәлеўи керек. Ҳақыйқатлық шайтанның өзине, өтириктиң әкесине қарсы турады. Шайтан Ҳаўа-енеге қарата сөйлегенде, Қудайың дурыс сөйлейтуғына гүман туўдырған еди. Биз Қудайдың ҳақыйқатын билип, оған сай ис тутатуғын болсақ, ол бизлерди азат қылады (Юхан 8:32 ге қараң). Сонлықтан Ийса Өзиниң Матта жазған Хош Хабардағы (5–7) Таўдағы ўазын Өз сөзлерин тек тыңлап қоймай, оларды орынлаўды да нәсият етиў менен жуўмақлаған еди. Биз ҳақыйқатты еситип, ол бойынша жасағанымызда, онда өз исенимимизди беккем тийкар үстине қурған боламыз. Ийса — Ҳақыйқат. Ал Ҳақыйқат биз тәрепте ҳәм Ҳақыйқат душпанның өтириги үстинен жеңиске ериседи. Өз жүреклериңизди Ҳақыйқатқа толтырың ҳәм оның менен жасаң. 2. Ҳақлық саўыты Рим империясы әскериниң қалқаны оның әҳмийетли дене мүшелерин қорғаўы тийис болды. Әдетте саўыт қайта исленген териниң қатты бөлеклеринен, унтақ қалайы ямаса еки материалдың қосымтасынан таярланатуғын еди. Саўытта әскердиң дәрежеси көрсетилип, оның елиниң герби сүўретленетуғын еди. Саўыт әскердиң көкиреги менен қарнын жаўып туратуғын еди. Бирақ оның арқасы ашық қалатуғын еди. Солай етип, шамалаўынша, әскер душпаннан қашып кетпей, оның алдында артқы тәрепин ашып, жүзбе-жүз турыўы тийис еди. Биз көзге көринбейтуғын душпан менен урыс алып баратуғын болғанымыз себепли, бәрқулла саўыт-қуралларды тағып жүриўимиз керек. Бизиң саўытымыз металлдан исленбеген, ал ол тири Қудайдың Руўхы тәрепинен исленген болып, бизиң ишки «Мен» имизге толық туўры келеди. Бизиң ҳақлығымыз металл менен қапланған емес, ал ол бизиң күнделикли өмиримиздеги ҳәр қандай жағдайларда ҳәр бир адам көре алыўы ушын Масих тәрепинен берилген. Душпан бизлердиң қәте-кемшиликлеримизди көрсетеди. Ол бизлерди Қудайдың балалары болыўға ылайықлы емес екенлигимизге исендириўге тырысады. Ол толық ҳақ. Бирақ бизиң Қудай менен болған қарым-қатнасымыз өз ҳақлығымызға емес, ал Ийсаның Қудай алдындағы толық ҳақлығына тийкарланған. Бизиң гүналарымыз ушын қун төленген. Қудай бизге қараған ўақытта, Ийсаны көреди. 3. Тынышлық аяқ кийими Тынышлыққа умтылыў дүнья сыяқлы ески ҳәм азанғы шық сыяқлы таза. Ийса бизиң дүньямызға келместен бир неше әсирлер бурын, Ийшая пайғамбар былай деген еди: «Таўлар асып киятырған, Хабаршыны көриў қандай әжайып! Ол парахатшылықты жәрияламақта, Хош Хабар алып келмекте, қутқарылыўды жәрия қылмақта. Ол Сионға: «Қудайың ҳүкимдарлық қылады!» демекте» (Ийшая 52:7). Еврей пайғамбарлары Қудайдан келетуғын Қутқарыўшы туўралы болжап айтқанда, олар басқа атлар менен қатар Оны дүнья Патшасы деп те атаған. Қутқарыўшы туўылғанда, периштелер хоры шопанларға: «Аспанда Қудай алғыслансын, Қудайға унайтуғын жердеги адамларға тынышлық болсын!» — деп жәриялаған еди (Лука 2:14). Сонлықтан Павелдиң Қудайдың саўыт-қураллары дизимине тынышлық Хош Хабарын жәриялаўды да киргизгени таң қаларлық нәрсе емес. Қудайдың жарастырыўшылары сыпатында биз қыйралыў емес, ал тынышлық апарыўымыз ушын аяқларымызға ҳәр қандай жағдайларға қарай барыў қәбилетин кийип аламыз. Масих Қудай менен жарасқан адамларды душпанлыққа емес, ал өз ара қарым-қатнас жасаўға шақырады (Евр. 12:2 ге қараң). Сонлықтан Қудай өзлеримизди тынышлық, кеширим ҳәм үмит хабарын апарыў ушын жиберген жерге барыўға таяр болыўымыз шәрт. Мүмкин, бизлерди туўры дозақ дәрўазасына қарай жиберер. Өйткени Оның Өзи дозақ дәрўазасының бизлерди жеңе алмайтуғынын ўәде еткен еди (Матта 16:18 ге қараң). Усы себептен, биз тынышлық ушын гүресиўимиз тийис. Солай етип, бизиң өмиримиз Хош Хабарға бағдарланған болады. Хош Хабарды айтып үйрениң. Хош Хабардың өз өмириңизде не ислегенин түсинип жетиң. Оның басқа адамларға қалай жәрдем ете алатуғыны ҳаққында ойланып көриң. Қудайдан Хош Хабар айтыўға мүмкиншилик жаратып бериўди сораң. Бул мүмкиншиликти қолдан бермең. Оны қолланыўға таяр болың. 4. Исеним қалқаны Рим әскериниң қалқаны қорғаныў ушын арналған болып, ол дерлик ҳәмме ўақытта қылыш пенен биргеликте қолланылған. Ол душпанның соққыларын қайтарыў ушын зәрүр. Әскердиң өзи қылыш пенен ҳүжим жасаған. Бизиң исенимимиз рим әскериниң исеними сыяқлы, руўхый қурал болып, ол беккем турып, адам ақылы ҳәм денеси ушын шектен тыс күшли болған душпанның соққыларын қайтарыў ушын мүмкиншилик береди. Исеним қалқаны тийкарғы үш ўазыйпаны орынлайды: • қутқарыўшы исеним — Қудайға деген ишки исеним; • бизге хызмет ететуғын ҳәм бизди хызметке руўхландыратуғын исеним; • сизиң күнделикли өмириңизде Қудайдың күшине ийе болған жақтыландырыўшы исеним. Душпан отлары астына түсип қалғанымызда, биз Қудайға деген исенимимиз арқалы қорғаныш излеймиз. Жағдай ҳәм ўақыялардың өзиңизди алдаўына жол қоймаң. Аян менен емес, ал исеним менен жүриң. Қудайдың әлле қашан жеңис пенен тәмийинлегенине деген исенимди сақлаң. Өз өмириңизди Оның садықлығына тапсырың. Оған исениң ҳәм сонда Ол сизди қутқарады. 5. Қутқарылыў дуўлығасы Масихыйлардың қутқарылыў дуўлығасы туўралы айта отырып, Павел Салоникалыларға жазған биринши хатында (5:8) былай деп жазған еди: «Ал күндизге тийисли болған бизлер сергек болайық, исеним ҳәм сүйиспеншиликти саўыт қылып, қутқарылыўға деген үмитти басымызға дуўлыға қылып кийейик». Әскер әрман ететуғын қуралдың ең жақсы түри — бул көзге көринбейтуғын қурал. Павел Қудайдың қутқарыўының мәңгилик екенин билип, хызметши болған әскерлерди бул дүньяға тийисли болмаған жоқарыдағы өмирге деген исенимге ийе болыўға шақырады. Өлимнен қорқпайтуғын әскерлер! Көз алдыңызға келтирип көриң, бул қандай қүдиретли күш! Қудай қутқарылыў дуўлығасын бизиң ақылымызды қорғаў ушын да арнап қойған. Душпан бизди қутқарылыўға байланыслы екилениўлер менен соққылағанда, бул дуўлыға бизиң исенимли қорғанышымыз болады. Сиз — Қудайдың сүйикли перзентисиз. Оның Өзи сизди қуллықтан сатып алды. Ол душпанға бизиң үстимизден жеңиске ерисиўге жол қоймайды. Сиз Қудай менен қарым-қатнаста болып, толық қәўипсизикте боласыз. Сизиң ишиңиздеги күш душпанның күшинен де қүдиретлирек. Ҳеш қандай екилениўге жол қоймаң. Ийемиз бенен беккем ҳәм исенимли түрде турың. ҲҮЖИМ ЖАСАЎШЫ РУЎХЫЙ САЎЫТ-ҚУРАЛЛАР Ефеслилерге жазылған хаттың 6-бабында атап өтилген Қудайдың саўыт-қуралларының барлық түрлериниң екеўи ҳүжим жасаўшы руўхый қуралдың ең әҳмийетлиси болып табылады. Келиңлер, оларды кеңирек қарап шығайық. 1. Руўхтың қылышы Мухаддес Жазыў Қудай тәрепинен бизлерге арналған сөз болып табылады. Оны жақсырақ билип алыўға ҳәрекет етиң. Онда ҳақыйқат, исеним ҳәм жубаныш тийкары бар. Усы сөзден өзлериңизге сабақ алың. Қудай Мухаддес Жазыў арқалы сизиң жүрегиңизге сөйлесин. Оның сөзи сизге ҳақыйқатты ашыўға, душпанның жалғанын әшкаралаўға, руўхый азғырылыўға қарсы турыўға, айыплаўлардан қутылыўға жәрдем береди. Басқа адамларды Қудайдың сүйиспеншилигине ҳәм кеширимине исендириў ушын усы сөзди қолланың. Руўхтың қылышы бизиң душпан менен урысыўымыз ушын ашық болған, Руўх руўхландырған анық аятлар ямаса ҳақыйқат сөзлериниң тымсалы болып табылады. Шайтан Ийсаны үш мәрте азғырмақшы болғанда, Ийса Мухаддес Руўхтың сөзин қолланып, шайтанды усылай жеңди. 2. Дуўа етиў Даўыт Голиат пенен алып барған урысында сақпаннан тас атылып шыққанда емес, ал өзиниң тири Қудай менен болған жақын қарым-қатнасы себепли жеңиске еристи. Урысларымызда жеңиўимиз яки жеңилиске ушыраўымыз бизиң Қудай алдында қалай жүргенимизге байланыслы. Дуўа етиў — бул Қудай менен сөйлесиў. Сиз Оған қарата сөйлесеңиз, Ол сизге қарата сөйлейди. Дуўа етиў қараңғылықтың руўхый күшлерине қарсы турыў болып, ол бул дүньяда ўақыялар менен жағдайларды қүдиретли түрде өзгертеди. Дуўа етиў — бизлер урысқа түспей турып-ақ, Қудайдың жеңисиниң тастыйықланыўы. Бирақ дуўа етиў — Қудай алдында тек дизе бүгиўден де көбирек нәрсе болып табылады. Дуўа етиў — бирдей дәрежеде ҳәм қарым-қатнас, ҳәм ҳәрекет болып табылады. Дуўа етиў — бул Қудайдың дәргайында бәрқулла ҳәм үзликсиз болыў. Дуўа етиў — Қудайдың басқарыўы ушын бәрқулла ашық болған жүрек. Дуўа етиў — бәрқулла Қудай менен қарым-қатнаста болыў. Себеби жер жүзиндеги тапсырмасын жуўмақлаў ушын, Ийсаға дуўа етиў ғана керек болады. ҚУДАЙДЫҢ САЎЫТ-ҚУРАЛЛАРЫ Мухаддес Китап Қудайдың саўыт-қуралларын, яғный толық қурал-жарағын қолланыўды анық буйырады. Әдетте биз қурал-жарақтың тийкарғы түрлерине ийе болыў жеткиликли деп есаплаймыз. Солай болса да, егер оның бир нәрсеси жетиспесе, бизде ҳәлсиз орын пайда болып, шайтан ол жерге соққы берип, бизге зыян жеткизиўи мүмкин. Нәтийжеде бизлер тайсалып, енди беккем тура алмайтуғын болып қаламыз (Петр. 1-х. 5:8–9 ға қараң). Мухаддес Китаптың анличан тилине исленген жаңа аўдармасында бул ҳаққында келеси сөзлер айтылған: «Беккем турып, шайтанның барлық ҳийлелерине қарсы төтепки бере алыўыңыз ушын, Қудайдан толық қурал-жарақты алыңлар». Және даўам етип: «Қыйын ўақытта душпанға қарсы тура алыў ҳәм урыстан соң да сол сыяқлы беккем тура алыўыңыз ушын саўыт-қураллардың ҳәмме бөлеклерин қолланың» (Ефес. 6:11–13 ке қараң, астын мен сыздым — П. Э.). Солай етип, «Қудайдың саўыт-қураллары» деген түсиник нени аңлатады? Мухаддес Китаптың жаңа аўдармасы былай деп түсиндиреди: «Өз орынларыңызда беккем турыңлар, ҳақыйқатлықтың беккем белбеўин ҳәм Қудайдың ҳақлық саўытын тағынып алыңлар. Сизиң таярлығыңыз толық болыўы ушын, аяқларыңызға Хош Хабардың басламасы болған тынышлық аяқ кийимин кийиңлер. Ҳәр бир урыста сизге қалқан болатуғын исеним керек болады. Ол шайтанның сизге қаратқан отлы оқларын тоқтата алады. Өзиңизге қутқарылыўды дуўлыға сыяқлы қылып кийип, Мухаддес Руўхтың қылышы болған Қудайдың сөзин алыңлар. Бәрқулла ҳәр қандай себепке байланыслы дуўа етиңлер. Дуўа еткениңизде, пүткил жер жүзиндеги масихыйлар ушын дыққатлы түрде ҳәм табан тиреп турып сораңлар» (Ефес. 6:15–18 ге қараң, астын мен сыздым — П. Э.). Биз усы сөзлер үстинде ойланып көриўимиз тийис. Бизлер ойларымыз бенен де, ислеримиз бенен де, бәрқулла ҳақыйқатта жасаймыз ба яки бул бойынша өзлеримиз алданып, басқаларды да алдаймыз ба? Биз өзимизди Қудайдың ҳақлығы менен қаплаймыз ба яки өз қағыйдаларымыз бойынша жасаймыз ба? Дүньяда өзимиздиң қутқарылғанымызға деген исеним менен жасап атырмыз ба? Биз жедел жарастырыўшылар болыўға таярмыз ба? Қалай ҳәрекет етип атырмыз? Исеним менен бе я қорқып па? Қудайдың сөзлерин қолланамыз ба я өз сөзлеримизди ме? Мухаддес Руўхтың күши менен дуўа етемиз бе яки бизиң дуўаларымыз үстиртин ҳәм менменликке толы ма? Әтирапымыздағы урыс майданында болып атырған нәрселерге сезимталмыз ба ямаса басқа нәрселерге алаң боламыз ба? Басқа масихыйлар ушын табан тиреп сорап атырмыз ба, оларды көтермелеп, бизлер менен бирге турып гүресе алыўы ҳәм жалғыз емес екенлигин билиўи ушын, Мухаддес Руўхтың күши менен жубаныш беремиз бе? Егер усылардың биреўи болса да, өмиримизде ҳәлсиз болса, биз усы ҳәлсиз жерди беккемлеўимиз тийис. Биз оның исенимли болыўы ушын, Қудайдың буйрықларына қулақ түриўимиз ҳәм жаўызлық күшлери үстинен жеңиске ерисиўимиз ушын ҳәммесин ислеўимиз зәрүр. Топардағы сабақлар Роллерге бөлинип, шынығыў өткизиў: Өз топарыңызда рим әскериниң барлық саўыт-қуралларын қалай таққанын сахналық көринис қылып қойың ҳәм әскердиң оларды қалай қолланатуғынын көрсетип бериң. Усылардың қәлеген биреўи болмаған жағдайда, қорғаныштың болмайтуғынын ойнап көрсетиң. Биргеликте руўхый қуралдың ҳәр бир түриниң қолланыўын кеңейтиўге ҳәрекет етип қөриң. Өзиңиздиң қарым-қатнас топарыңыздың ҳәм жәмәәттиң руўхый мүтәжликлери ушын дуўа етиўге ўақыт ажыратың. Және де, дүнья жүзи бойлап қуўдаланып атырған жәмәәтлердиң исениўшилерин еске түсириң. Жеке тапсырмалар: 1. Патшалықлар туўралы 1-китаптың 17-бабын оқып шығып, бул бапта табыўға болатуғын руўхый урысты алып барыўдың принциплерин атап өтиң. 2. Даўыттың қалайынша Қудайдың саўыт-қуралларының ҳәр бир затын қолланатуғынын талқылаң. Бул ҳаққында Ефеслилерге жазылған хаттың 6-бабында сөз етилген. Талқылаў ушын сораўлар: 1. Қудайдың саўыт-қуралларының ҳәр бирин өз өмириңизде ис жүзинде қалай қолланатуғыныңызды талқылаң. 2. Ҳақыйқый өмирде Қудайдың саўыт-қуралларын қолланатуғынымызға қалай исенимли бола аламыз? 3. Заманагөй мәденияттан алынған қандай көринисти (рим әскериниң саўытлары ҳәм қуралларының орнына) руўхый урыста қорғаныў принциплерин ҳәм күш көрсетиўди түсиндириў ушын қолланыўға болады? Мысалы: Ҳиндистанда масихыйлар күшли соққы бериўге таяр турған крикет ойыншысының көринисин усынады. Ал Канадада өзине қарай күшли тезлик пенен ушып киятырған шайбаны қақшып қалыўға таяр турған хоккей командасының дәрўазаманының көринисин қолланады. 4. Усы баптың ақырында усынылған сораўларға жуўап бериң. Он үшинши бап Қудайдың қоллап-қуўатлаўы: Мухаддес Руўх Солай етип, өзлериңиз жаман бола тура, өз балаларыңызға жақсы сыйлар бериўди билсеңиз, аспандағы Әке де Өзинен сорағанларға Мухаддес Руўхты бериўи сөзсиз. Лука 11:13 Қаслықларға қарамай, егер масихыйлар өз өмирлеринде Қудайдың барлық сынақларды алдын ала көре билетуғынына исенбесе, олардың Масих пенен толы өмирде жасаўға ҳәрекет етиўи қайғылы жуўмақланады. Заманның басында-ақ, мәңгилик Қудай душпанның бизлерге қарсы жобаластырған барлық соққыларын билип, Өзиниң алдын ала көре билетуғыны арқалы жеңиске ерисиўимиз ушын мүмкиншилик берди. Алдынғы бапта қорғаныў қуралларының түрлерин қарап шыққан едик. Қудай ҳәр қандай жағдайға төтепки бере алыўымыз ушын бизлерди олар менен тәмийинлеген. Келеси үш бапта биз ҳүжим жасаўшы қураллардың үш түрин изертлеп шығамыз. Қудай Өз жәмәәтиниң шайтан үстинен жеңиске ерисиўи ушын оларды берген еди. Олар: Мухаддес Руўх, Мухаддес Китап ҳәм дуўа етиў. МУХАДДЕС РУЎХ Жәмәәттиң пүткил тарийхы даўамында, жәмәәттиң тийкарғы ойларының бири Үшбирлик тәлийматы болды. Мухаддес Китаптың тири Қудайы — жалғыз Қудай. Бирақ Ол бизлерге Өзин үш бетте ашып көрсетти. Олар: Қудай Әке, бизлер Ийса Масих деп атайтуғын Қудай Әке ҳәм Қудай Мухаддес Руўх. Бул толық әҳмийетли тәлиймат болып, ол адам ақылы менен түсиниў мүмкин болмаған, ал исеним менен қабыл етиў мүмкин болған руўхый сырдан ибарат. Пүткил дүнья жер жүзи бойлап, бул тәлийматты түсинбейуғын, ҳәтте, ол туўралы билмейтуғын көп исениўшилер Үшбирликке ийе Қудайдың өзлерине деген тәсирин бастан кеширген ҳәм Оны танып билген. Исениўшилердиң көпшилик бөлеги Қудай Әкени пүткил жер жүзи Ҳүкимдары ҳәм аспандағы мәңгилик қудайлық күш сыпатында тән алады. Масихыйлар арасында пүткил жер жүзиниң Қудайы Өзин сөз (Мухаддес Китап) арқалы ашып бергени улыўма тән алынған ҳақыйқат болып табылады. Кейин Ол Өзин қайғылы түрде, бизиң Қутқарыўшымыздың (Ийса Масих) физикалық денеде дүньяға келиўи арқалы ҳәм еле де терең, жеке дәрежеде Мухаддес Руўх арқалы ашып берди. Исениўшилер Үшбирликтиң үшинши бетин ҳәммесинен де азырақ түсинсе керек. Бирақ Мухаддес Китапқа сай, Мухаддес Руўх ғана ҳәммесинен де бетер бизиң Масих пенен жасаўымызға жәрдем береди. Биз Ийса Масихты өмиримизге өз Ийемиз болып келиўге шақырсақ, өмиримизге Мухаддес Руўх кирип келеди ҳәм Ол бизде жасап, бағышланған өмирде жасаўымызға мүмкиншилик береди. Мухаддес Руўхтың Өзи ҳәм Оның ҳәрекети туўралы түсиниктиң жоқ болыўын ҳәм тәлийматтың анық болмаўын еки тийкарғы қәте арқалы түсиндирсе болатуғын шығар. Бириншиден, Ийса Масихтың Мухаддес Руўхтың Өзин «даңққа бөлейтуғыны» ҳаққында айтқан сөзлери (Юхан 16:14 ке қараң) Мухаддес Руўх руўхландырған тәлийматтың баслы тақырыбы Масихтың Өзи болатуғынын нәзерде тутады деўши адамлар бар. Сонлықтан бундай адамлар Мухаддес Руўхқа ериспейди. Бул арқалы олардың Мухаддес Жазыў бойынша жүриўди шын жүректен қәлейтуғыны көринеди. Деген менен, олар усы себептен Жаңа Келисимде болған Мухаддес Руўхтың Өзи ҳәм Оның жобасына болған көп нусқаўларды дыққаттан қашырып қояды. Бул үзиндилерди жазғанда, Жаңа Келисим авторлары Мухаддес Руўхтың басқарыўында болған ба? Әлбетте, болған. Өзи жәмәәтте алып баратуғын хызметти, яғный Масихты алғыслайтуғын хызметти бизлердиң түсинип жетиўимизди Мухаддес Руўх қәлейди деп жуўмақ шығарыўға болады. Буннан тысқары, масихыйлар Мухаддес Руўхтың өзлери ушын не ислей алатуғынын түсинсе, оларға Масихты алғыслайтуғын өмирде жасаўға анағурлым аңсат болады. Масихый тәлийматта Мухаддес Руўхтың Өзине ҳәм Оның ҳәрекетине жийи-жийи керекли дыққат аўдарылмайтуғын екинши себеп — бул Мухаддес Руўхтың хызметиниң шектен тыс ҳәрекети ҳәм алдын ала айтып болмайтуғын болып көриниўинен ибарат. Елшилердиң китабында сөз етилгенлерге қарап, биз Мухаддес Руўхтың биротала белгиленген өлшем менен ҳәрекет етпейтуғыны бойынша жуўмақ шығара аламыз. Ол бизлерге бирдей болып көринген жағдайға ҳәр сапар ҳәр түрли қатнаста болады! Усындай избе-изсизликте Мухаддес Руўхтың ҳәрекетин алдын ала болжаў мүмкин емес. Сонлықтан дәстүрий жәмәәтлерде оларды ҳәмме ўақытта да итибарға ала бермейди. Ийса бизлерге жалғыз қалдырмайтуғынын, ал бизлерге мәңги бирге болатуғын Жубатыўшыны жәрдемге жиберетуғынын айтқан еди (Юхан 14:16–18 ге қараң). Тағы да, Ол Мухаддес Руўхтың бизлерге тәлим беретуғынын да айтқан (Юхан 14:26 ға қараң). Ийса Оны ҳақыйқатлық Руўхы деп атаған еди (Юхан 14:17 ге қараң). Мухаддес Руўх исениўшиниң өмиринде соншелли ҳақыйқый болғанлықтан, Оның ис-ҳәрекетлери менен қәсийетлерин атап өтиў пайдалы болған болар еди: • Ол — бизиң мийрасымыздың гиреўи (Ефес. 1:14) • Ол бизлерди жубатады (Юхан 14:16) • Ол дүньяны әшкаралайды (Юхан 16:8) • Ол тәлим береди (Юхан 14:26) • Ол еслетеди (Юхан 14:26) • Ол Масих туўралы гүўалық береди (Юхан 15:26) • Ол ҳәр қандай ҳақыйқатлық бойынша нәсиятлайды (Юхан 16:13; Рим. 8:14) • Ол Ийсадан алып, бизлерге жәриялайды (Юхан 16:14; Лука 2:26) • Ол Масихты алғыслайды (Юхан 16:14) • Ол бизлерге күш береди (Ел. исл. 1:8) • Ол бизлер арқалы сөйлейди (Ел. исл. 4:31) • Ол бизлерге сөйлейди (Юхан 16:13) • Ол бизлерде гүўалық береди (Рим. 8:16) • Ол бизлерди беккемлейди (Рим. 8:26) • Ол бизлер ушын тәўеллешилик етеди (Рим. 8:26) • Ол руўхый сыйлар береди (Коринф. 1-х.12:4–11) • Ол жаңалайды (Титус 3:5) • Ол ўәде мөрин басады (Ефес. 1:13) • Ол бизлерде Өз жемисин пайда етеди (Галат. 5:22) Келтирилген дизимнен бизлер кең тарқалған қәтелерден аўлақ болыўымыз ҳәм бир тәрептен қарағанда, Мухаддес Руўхты бийкарламаўымыз, ал екинши тәрептен қарағанда, Оған сезим тийкары сыпатында умтылмаўымыз тийис екени анық. Масихый өз өмиринде Мухаддес Руўхтың ис-ҳәрекетлериниң орынланыўын көриўи толық зәрүр ҳәм оның душпан аўҳалда жасағаны я жасамағаны әҳмийетли емес. Жоқарыда атап өтилген Мухаддес Руўхтың ис-ҳәрекетлери менен қәсийетлерин итибарға алмай турып, биз гүнакар дүньяға ҳеш нәрсе усына алмаймыз. Бизде оған бир нәрсе усына алғандай күш те жоқ. Ҳәр бир масихый өз алдына Мухаддес Руўхтың усылай толық басқарыўы астында жасаўы зәрүр. Сонда ҳәр бир адам Мухаддес Руўх бойынша ис тутаман деп айта алады (Галат. 5:25 ке қараң). Павел исениўши галатлыларға олардың өмири Қудайдың кәраматынан, Масихта жоқарыдан туўылыўдан басланғанын ҳәм олардың бундай өмирдиң даўамын Қудайдың күши жәрдеминде ғана күте алатуғынын еслетеди. Бул мүтәжлик қуўғынлар менен қуўдалаўлар ўақтында айрықша анық көринди. Мүмкин, қыйын аўҳалда қалғанда, Мухадес Руўхтан нени күтиў кереклигин билиў ҳәм усыны умытпаў ушын, Мухаддес Руўхтың ис-ҳәрекетлериниң усы дизимин есте сақлаў зәрүр шығар. Бир күни бизиң хызметимиздиң Қытайдағы шабарманы қәўипли аўҳалға түсип қалды. Шегарадан өтерде, оған айыплаўшы сораўлар бере баслаған еди. Ол не деп жуўап берерин билмей қалған. Сонда ол Мухаддес Китапта айтылғандай, зәрүр жеринде Мухаддес Руўхтың керекли сөзлерди беретуғыны ҳаққында ўәдени еске түсирди. Ол аз-маз албырап турғаннан соң, Қытай тарийхынан бир ўақыяны еске түсиргенликтен, гәп басқа жаққа бурылып кетти. Кейин ала, ол Қытай тарийхы бойынша бул ўақыяны бурын еситкенин еслей алмайтуғынын айтып берди. Оны қутқарған бул сөзлерди Мухаддес Руўх оның аўзына салған еди! Мухаддес Китаптың не үйрететуғынын умытпаңлар: «Сизлердиң араңызда жақсы исти баслаған Қудайдың буны Масих Ийсаның күнине шекем толық тамамлайтуғынына анық исенемен» (Филип. 1:6). Бул демек, егер исениўши болсақ, онда Мухаддес Руўхтың бизлерде жедел ҳәрекет ететуғынын билдиреди. Сиз Оның қалай ис-ҳәрекет ететуғынын түсинесиз бе? МУХАДДЕС РУЎХТЫҢ КҮШИ Мухаддес Руўхтың барлық ис-ҳәрекетлериниң жәмәәт жетекшилерине қаншелли зәрүр екенине итибар қаратың. Қыйын аўҳалға түскенде, Мухаддес Руўхтың басқарыўы айрықша әҳмийетли. Батыста қабыл етилген жәмәәт жетекшилиги түри ҳәм жәмәәттеги пүткил искерлиги бойынша бир адамның қолында болған басқарыўшылық жазалаў тәртиби аўҳалына улыўма туўры келмейди. Бириншиден, жәмәәтти булай басқарыў көбинесе Мухаддес Китап қағыйдаларына тийкарланған, екиншиден, жәмәәттиң жедел турмысына тосқынлық қылыў ушын ҳүкиметке әҳмийетли адамды жоқ қылыў жүдә аңсат. Шопан ҳәм муғаллим тәрепинен басқарылған жәмәәт басқарыўшылығы әдети жәмәәт басқарыўшы тәртип пенен бирге татыўлықта жасаўды шешиўи, оған қарсы шығыўы ямаса жасырын болып қалыўына қарамай, өзгериўи тийис. Тынышлықта жасаўшы яки, ҳәтте, қарсылық көрсетиўши жәмәәт шопанларға ийе болыўы мүмкин. Бирақ олардың ислери бәрқулла бақлаў астында болады. Шопанлар ҳүкиметтиң итибар орайында болғанда, жәмәәттиң әпиўайы ағзалары аўырыўларды барып көриў, жасларға ҳәм исенимге жақында келген масихыйларға тәлим бериў ўазыйпасын өз мойнына алса болады. Шопан жәмәәтке келиўшилерди жубатыў, жигерлендиреў ҳәм нәсият айтыў ушын, олар менен еркин ушыраса алмайды. Бирақ сондай жағдайда жәмәәттиң басқа ағзалары өз туўысқанларының мүтәжликлерин қандыра ала ма? Егер Мухаддес Руўх бағышланғанларды тапса, оларды Өзи менен толтырып жибереди ҳәм олар бурын орынлаўға ҳәрекет етпеген жетекшилик ўазыйпасын орынлаў ушын оларды бағдарлайды. Бир елде диктатура орнатылғанда, ҳүкимет хызметкерлеринде масихый жетекшилердиң жоқары лаўазымында болғанларының да, орта лаўазымында болғанларының дизими болды. Аўдарыспақтан кейин, толық жумыс күни даўамында мийнет еткен ҳәр бир жәмәәт хызметшиси «белги салынған» болып есапланды. Вьетнамда, ҳәтте, жәмәәтте толық бир күн даўамында хызмет етпейтуғын, ал жәмәәттиң әпиўайы ағзалары сыпатында жетекшилик хызметлерди ийелеўши масихый жетекшилер де «белги салынған» болып қалды. Бул адамларда жасырын болып қалыўға мүмкиншилик болмады. Оларға я Ийемизге деген исенимин ашық мойынлаўы ҳәм бул мойынлаўдың барлық ақыбетлерин қабыл етиўи, я руўхый жеңилиске шыдаўға туўра келди. Усындай қыйын жағдайда қалған исениўшилер ушын ҳәмме биргеликте дуўа етиўи керек. Көз алдыңызға келтирип көриңлер, сизиң елиңиздеги масихый турмыс өз жетекшилеринен бирден айырылып қалса не болады? Аўдарыспақтан соң тәбийғый түрде келетуғын бийтәртиплик ҳәм албыраўшылық заманында, масихыйлардың кишкене топары басқа орынға көшип өтип, сол жерде жасырын жәмәәт дүзиўи мүмкин. Деген менен, олар өзлери үйренген ис усылларын қалдырыўы тийис болады. Бирақ бундай топарларда ким жетекши болады? Ким үй ҳәм хожалық жәмәәтлерин басқарады? Қудай бундай жағдайларда бурын Өзи ислеп келгениндей, Мухаддес Руўхтың жәрдеминде жетекшилерди Өз жәмәәти ушын көтерип, оларды тәмийинлейди. Үй жәмәәтлериндеги қарым-қатнас топарларының ағзалары Мухаддес Руўхтың басқарыўын ҳәм Ол хызметшилер сыпатында таңлайтуғын исениўшилерди қабыл етиўге таяр болыўы тийис. Және бир мәртебе Елшилердиң ислери китабындағы Жаңа Келисим жәмәәтлериниң үлгисине ҳәм елши Павелдиң өз хатларында усынған үлгиге қараң. Кишкене жәмәәттеги исениўшилерди Мухаддес Руўхтың басқарыўы бир неше адамның татыўлықта ис алып барғаны арқалы иске асады. Олар басқа исениўшилерге жубаныш берип, қоллап-қуўатлап, ақыл-нәсият айта алады. Қарым-қатнас топарында исениўшилер өзлериниң Қудай алдында руўханий екенин (Петрдиң 1-х. 2:5 ке қараң) ҳәм Оның менен қатнас жасаў ушын Ийсадан басқа ҳеш ким керек емес екенин (Тим. 1-х. 2:5 ке қараң) ҳәм оларды бәрқулла Мухаддес Руўх басқаратуғынын түсине алса, онда Ийса Масихқа деген қатнаста дурыс ис тута алады. Мухаддес Китап Масихтың бас, ал бизлердиң ҳәммемиздиң Оның денеси екенимизди айтады (Ефес. 1:22–23 ке қараң). Сизиң қолыңызға мийдиң буйырғанын ислеўди түсиндириў ушын қосымша басшы керек пе? Әпиўайы исениўшилер туўры Ийемизге дуўа ете алатуғынын түсине баслағанда, олар Мухаддес Руўхтың басқарыўында Мухаддес Жазыўдан көширип жазылған яки ядланған үзиндини түсинеди. Сонда олар ҳәр қандай жағдайда да, әтирапта кимлер болыўына қарамастан, сыналған ҳәм исенимли жолға түседи. Усылайынша, бир толқынландырыўшы аяннан екиншисине қарай саяхат басланады. Бундай масихыйлар Мухаддес Руўхтың өзлерин басқа адамлардың өмирине тәсир жасап, оларға хызмет етиў ушын қолланыўына жол қояды. Усындай руўхый жәмәәтти жер жүзиндеги ҳеш қандай бийлик буза алмайды! Қытайда бир масихый ҳаял шахтада қәўипсизлик хызметин басқарған екен. Бир күни ол күтилмегенде, Мухаддес Руўхтың өзин қәўип дабылын басыўға ийтермелеп атырғанын сезди. Деген менен, қәўетерлениўге ҳеш қандай себеп жоқ еди. Ҳәммеси тыныш ҳәм қәдимгидей еди. Бирақ ҳаял ишки даўысқа бойсынып, сирена түймесин басты. Буның нәтийжесинде, барлық шахтерлар тезлик пенен сыртқа шығарылды ҳәм олар шахтаның кирер аўзына жыйналғанда, ҳаял бир неше сәт өзин үлкен қәте ислеп қойғандай сезди. Сонда арадан бир минут өтиўден, олардың аяқлары астындағы жер қыймылдап, жер силкиниў басланғанлықтан, шахтаның жумыс ислеў бөлегинде уныраў жүз берди. Бул туўысқанымыздың алдын ала көре билгени ҳәм Мухаддес Руўхқа бойсыныўға таяр болғаны себепли, усы адамлардың өмири аман қалды. Буннан тысқары, Масихтың өзлерин кәраматлы түрде қутқарғанын тән алып, төрт жүз шахтер өз өмирлерин Масихқа бағышлады. ҲӘММЕНИҢ ИЙГИЛИГИ УШЫН БЕРИЛЕТУҒЫН ЖЕКЕ СЫЙЛАР Бизлерге Мухаддес Руўх себепли қол жетер болған усындай руўхый күштен пайдаланыўдан алдын, ҳәр бир исениўшиниң өмиринде Мухаддес Руўхтың ҳәрекети ҳаққында Мухаддес Китап тәлийматын түсиниўимиз тийис. Келиңлер, Оның менен байланыслы болған тийкарғы түсиниклерди еске түсирейик: • Ол — Қудай (Жарат. 1:2) • Ол — мәңгилик (Евр. 9:14) • Ол исениўшиниң ишинде жасайды (Коринф. 1-х. 3:16; Рим. 8:9) • Ол исениўшини ҳеш қашан таслап кетпейди (Юхан 14:16) • Оның болыўы Ол беретуғын сыйлар арқалы көринеди (Галат. 5:22–23) • Ол душпанға қарсы турыў ушын күш береди (Яқып 4:7; Лука 9:1–2) Усы ҳақыйқатларды тыянақлы түрде өзлестирип алып, исениўшилер ҳәр қандай жағдайда да жеңиске ерисе алады. Петр төмендеги сөзлерди айтқанда, нени нәзерде тутқанын ҳәр бир исениўши түсиниўи керек: «Сизлер тири таслар сыяқлысызлар. Сонлықтан Қудай сизлерди руўхый Ибадатхана салыўда қолланып, Ийса Масих арқалы Өзине унайтуғын руўхый қурбанлық бериўиңиз ушын, мухаддес руўханийлер қылып атыр» (Петр. 1-х. 2:5). Ол және де былай деди: «Бирақ сизлер Қудай тәрепинен таңланған адамлар, Патшаның руўханийлери, мухаддес миллет ҳәм Қудайға тийисли халықсыз» (Петр. 1-х. 2:9). Бул тәлийматта тастыйықланған пикир кеўилсиз аўҳалға түсип қалған масихыйлар ушын үлкен әҳмийетке ийе. Ҳәтте, жәмәәт искерлигиниң үйреншикли түрлеринен айырылып қалған жағдайда да, олар өз хожалықларында ҳәм кишкене жыйынларда жәмәәттиң барлық ўазыйпаларын орынлай алады! Буған гүўалық бериў, Масих арқалы қутқарылыўы ушын исенбейтуғын адамларға ўаз айтыў, исенимге жаңа келгенлерди суўға шомылдырыў рәсиминен өткизиў ҳәм Ийемизди еслеў кешесинде қатнасыў жатады. Деген менен, Мухаддес Руўх руўхый жетекши болыўға ҳақылы екенине исенимли емес исениўшилерди қоллана алмайды. Сонлықтан биз Мухаддес Китап тәлийматында беккем турыўымыз тийис, оған сай Ийса Масих жәмәәттиң басы болып табылады. Ол бул лаўазымды айырым адамларға да, шөлкемлерге де бермеген. Сол себептен тек Ол ғана Қудай менен адамлар арасындағы жалғыз Тәўеллеши болып табылады. Усы мәселени түсинбегенликтен, ҳәр түрли машқалалар пайда болыўы мүмкин. Олардың бири қытайлы исениўши арқалы көрсетилген. Ол бизиң Қытайдағы ўәкилимизге он жыл даўамында Қудайға сыйына алмағаны ҳаққында айтып берди. Сонда бизиң хызметкеримиз таң қалып, бул исениўшиге соншелли узақ ўақыт даўамында Қүдиретли Қудайға тыныш сыйыныўға не кесент еткенин сорады. Ол жуўап берип, өз руўханийиниң қамаққа алынғаны себепли усылай болғанын айтты. Қандай қайғылы! Бул адам Қудайдың тахтына Ийса Масих арқалы барыўға толық ҳуқықлы екенин түсинбеген. Жәмәәттиң басы сыпатында Ийса жәмәәтти Мухаддес Руўхтың күшине толтырыўды даўам етпекте (Ел. исл. 2:33 ке қараң). Мухаддес Руўхтың исениўшилердиң ҳәр бир топарының мүтәжликлерин қандыратуғынына исениў тийис. Ол пүткил топарды беккемлеў ушын, жәмәәт ағзаларына руўхый сыйлар береди (Рим. 12:3–8 ге қараң). Масихтың денесиниң қарым-қатнас қылыўы ушын керекли болған барлық сыйларға тек бир адам ийе болатуғынына исениў қыйын. Әдетте ҳәр бир исениўши руўхый сыйға ийе. Ол сол сыйларды дурыс қолланса, топардың барлық ағзалары ушын керекли жәрдем болыўы мүмкин. Исениўшилер Мухаддес Жазыўдан алынған тийкарғы үзиндилерди жақсы билиўи тийис. Өз топарларында Мухаддес Руўхты қоллана алыўға таяр болыў ушын, исениўшилер Мухаддес Жазыўдағы Мухаддес Руўхтың сыйлары туўралы үйрететуғын тийкарғы үзиндилерди жақсы билиўи тийис. Павел Ефестеги жәмәәтке былай деген еди: «Бирақ Қудай ҳәр биримизге Масихтың сақыйлығына муўапық Өз мийримин сыйға берди. Масих гейбиреўлерди елши, базыларды пайғамбар, айырымларды Хош Хабарды жәриялаўшы, ал биреўлерди жәмәәт шопаны ҳәм устаз қылып қойды. Ол буны исениўшилерди таярлап, олардың хызмет қылыўы ҳәм Өзиниң денеси болған жәмәәтти беккемлеў ушын иследи» (Ефес. 4:7, 11–12). Ал коринфлилерге Павел былай деп түсиндирген еди: «Туўысқанларым, сизлердиң бул ҳаққында хабарсыз қалыўыңызды қәлемеймен». Бирақ ҳәр бир адамға Мухаддес Руўхтың сыйлары пайда келтириў ушын бериледи. Мухаддес Руўх биреўге ақыл-даналық сөзлерин, биреўге билим сөзлерин, сол Мухаддес Руўх биреўге айрықша исеним, биреўге аўырыўларға шыпа бериў сыйын, биреўге кәраматлар көрсетиў күшин береди. Булардың ҳәммесин иске асырыўшы бир ҳәм анық сол Мухаддес Руўх. Мухаддес Руўх бул сыйларды Өз қәлеўи бойынша ҳәр кимге бөлип береди» (Коринф. 1-х. 12:1, 7–11). Егер биз Мухаддес Руўхтың арамызда еркин ҳәрекет етиўине жол қойыўды қәлемесек, Ол өзлеримиз соншелли мүтәж болған жетекшилер менен бизлерди тәмийинлей алмайды. Петр ҳәр биримизге қарата былай дейди: «Ҳәр бириңиз жақсы хызметши сыпатында Қудайдың сизлерге мийримлилик пенен берген ҳәр түрли руўхый сыйларын қоллана отырып, бир-бириңизге хызмет етиңлер» (Петр. 1-х. 4:10). МУХАДДЕС РУЎХТЫҢ ЖЕМИСЛЕРИ Мухаддес Руўх тәрепинен руўхландырылған сөз ҳәм исти үйрениў барысында, Мухаддес Руўхтың жемислериниң көриниўи жүдә әҳмийетли. Галатлыларға жазылған хатта (5:22–23) биз мына сөзлерди оқыймыз: «Бирақ, адам өмиринде жетистиретуғын Мухаддес Руўхтың жемиси — сүйиспеншилик, қуўаныш, тынышлық, сабырлылық, мийримлилик, қайырхомлық, садықлық, мүләйимлилик ҳәм өзин тутып билиў». Мухаддес Руўхтың жемислериниң дизими адамның минез-қулқына туўрыдан-туўры байланыслы. Бул жемислер Мухаддес Руўхтың мийриминде көринип, Оның сыйларынан пүткиллей айырмашылыққа ийе. Адамның өзине тән қәбилети көриниўден алдын, оның минез-қулқы қәлиплесиўи тийис. Павел өз дизимин сүйиспеншиликтен баслайды. Себеби негизинде басқа барлық жемислер сүйиспеншиликтен өсип шығады. Биринши топар үш жемистен ибарат. Олар: сүйиспеншилик, қуўаныш ҳәм тынышлық болып, масихыйдың Қудайға деген умтылысын көрсетеди. Ал екинши топар үш жемистен ибарат болып, олар: сабырлылық, мийримлилик ҳәм қайырхомлық. Олар исениўшиниң басқа адамларға деген бағыт ҳәм қатнасын көрсетеди. Ал үшинши топар садықлық, мүләйимлилик ҳәм өзин тутып билиў болып, масихыйдың өзине деген талабын билдиреди. Адамның тәрбиясы ушын, онда Мухаддес Руўхтың жемислери көриниўи жүдә әҳмийетли. Мухаддес Руўх исениўшиде Өз жемислерин өсирип шығарса, барлық даңқты Қудай алады. Мухаддес Руўхтың жемиси Мухаддес Руўх ҳәм Қудайдың сөзи мол болғаны себепли жарылқанған ықлымда өсип шығады. «Руўх бойынша ис тутыў» деген сөзлер Мухаддес Руўх пенен биргеликте қәдем басыў дегенди аңлатады. Оның алдына түсип, жуўырып кетпей, Оннан изде қалып та қоймай, ал биргеликте қәдем таслаў деген мәнисти билдиреди. Ҳадал өмирдиң мәниси усыннан, яғный Мухаддес Руўх пенен өз ара тири қарым-қатнас жасаўдан ибарат. Мухаддес Руўхтың жемислериниң жуўмақлаўшы дизимин Ефеслилерге жазылған хаттан тапсақ болады (5:9): «Өйткени нурдағы өмирдиң жемиси — ҳәр түрли жақсылық, ҳақлық ҳәм ҳақыйқатлықтан ибарат». Егер өмиримизде усы жемислер болса, егер биз Мухаддес Руўхқа Өзи сыйлаған сыйларын қолланған ҳалда өзимизди тиклеп барыўға жол қойсақ, онда бизиң масихый гүўалығымыз тек жасаўымызға жол қоймай, ол бизди жеңимпаз да қылады. Топардағы сабақлар Роллерге бөлинип, шынығыў өткизиў: Сиз қарым-қатнас жасаў топарыңыз бенен биргеликте Мухаддес Руўхтың ҳәрекетин атап өтиң ҳәм олардың сизиң күнделикли өмириңизде иске асыўы бойынша мысаллар менен бөлисиң. Усы сыйларды атап өтиўден баслаң. Кейин, қатнасыўшылардың қайсы бири соңғы бир неше күн даўамында Мухаддес Руўхтың өзине қандай да бир жағдайда жубаныш бергенин анық сезгени туўралы сораң. Исениўшилерден өз өмиринде усыған байланыслы болған анық ўақыялар туўралы айтып бериўди өтиниш етиң. Мухаддес Руўхтың барлық ҳәрекетлериниң иске асыўын олардың неге көрмей атырғанын талқылаң. Мухаддес Руўхтың өмириңиздиң ҳәр бир тараўын қадағалаўы ушын дуўа етиң. Талқылаў ушын сораўлар: 1. Бизлерге Өзин үш бетте ашып берген Қудайды қабыл етиўимизге шайтан пүткил күши менен қарсылық көрсетеди. Бул тәлийматқа көрсетилген қарсылық ҳаққында қандай анық мысалларды келтире аласыз? Бул тәлийматты түсиниў ушын, исениўши туўысқанларға қалай жәрдем берсек болады? 2. Мухаддес Руўхтың қайсы ҳәрекетлери сизге айрықша әҳмийетли болып көринеди? 3. Өз өмириңиздиң қайсы тараўында сиз Мухаддес Руўхтың ҳәрекетин көресиз, бул туўралы айтып бериң? 4. Мухаддес Руўхтың сыйларын және бир рет санап айтып бериң. Сизиң пикириңизше, қарым-қатнас топарыңыздың ағзалары қандай сыйларға ийе? Ал сиз өзиңиз қандай сыйға ийесиз? 5. Мухаддес Руўхтың ис-ҳәрекетиниң жемислерин атап өтиң. Бизиң өмиримизде Мухаддес Руўхтың жемислери көринетуғынын қалай анықлаўға болады? Ол сизде көрине ме? Ал сизиң қарым-қатнас топарыңызда ше? Он төртинши бап Қудайдың қоллап-қуўатлаўы: Мухаддес Китап Алды менен мынаны билип қойыңлар: Мухаддес Жазыўда болған ҳеш бир пайғамбаршылық сөзин ҳеш кимге өз бетинше түсиндириўге болмайды. Өйткени ҳеш бир пайғамбаршылық сөзи адамның қәлеўи менен айтылған емес. Ал Мухаддес Руўх тәрепинен басқарылған адамлар Қудайдың сөзлерин айтқан. Петрдиң 2-хаты 1:20–21 Даниэль ҳайран қалғанлықтан басларын шайқап, орынлықта отырған еди. Ол тап жаңа ғана Қытай Халық Республикасына ислеген биринши узақ сапарынан қайтып келген еди. Енди болса, ол Сингапурдағы өз үйинде, арқайын ҳәм қолайлы жағдайда жуўмақ шығарып, өз тәсирлерин ҳәм алған мағлыўматларын жеткизиўге тырысты. — Өз сапарың ўақтында сен нени билдиң, Даниэль? — деп сорады оннан. Даниэль басын шайқаўын ҳәм күлимсиреўин даўам етти. Ақыры, ол ойланып турып былай деди: — Бир үй жәмәәтин барып көргенимизди жуўмақлаўшы деп атаўға болатуғын шығар. Ол соңғы жылларда аяўсыз қуўдалаўларды басынан кеширген ҳәм бир неше жүзлеген адамнан ибарат болған жәмәәт еди. Мен олардан усындай қорқынышлы аўҳалда қалай жеңимпаз масихый болып қала алатуғынын, ҳәтте, саны жағынан да өскенин сорағанымда, олар тез жуўап берип, үш пунктти атап өтти. Бириншиси — Қудайдың сөзине бойсыныў. Екиншиси — Қудай менен сөйлесиў, яғный дуўа етиў. Үшиншиси — туўысқанларға деген сүйиспеншилик. Бул топар ҳәр ҳәптеде Мухаддес Китаптың бир бабын ядлайды. Ҳәммеси Мухаддес Китап нусқаларының жетиспегенлиги себепли басланды. Деген менен, олар Қудайдың сөзине деген бундай қатнас өмирлерине қандай жарылқаў әкелетуғынын түсингенде, аятларды ядлаўды даўам етпекте. АҚЫЛ-НӘСИЯТ БЕРИЎДИҢ БАСЛЫ ТИЙКАРЫ Мухаддес Китап — бул Қудайдың Өзи ҳәм Оның адамлар менен қатнас жасаўды қәлеўи ҳаққында жазылған аяны. Бул тек Қудай ҳаққында аян болып қалмай, ол Қудайдың дүньяны қутқарыў бойынша қыйын жобасы да болып табылады. Қудай Өзин ашып бериўди қәлемегенде, адамлар ҳеш қашан да уллы Қудайымызды түсине алмаған болар еди. Әлбетте, Қудайдың уллы аяны Оның Улы, яғный арамызда жасаў ушын келген Ийса Масих болып табылады. Ҳәтте, бул аянды бизиң түсиниўимиз де Қудайдың жазылған сөзи болған Мухаддес Китапқа байланыслы. Шайтан соңғы әсир даўамында Мухаддес Китаптың абырайын түсириў ушын, ҳақыйқый үгит-нәсият топарын өткизди. Ол масихыйлардың Қудайдың сөзине деген исенимин жойтқанын жүдә қәлер еди. Бирақ оның барлық урыныўларына қарамастан, бул китаптың ылайықсыз екенин дәлиллеў ҳеш қашан ҳеш кимниң қолынан келмеди. Ол адамзатқа белгили болған жалғыз ҳәм толық ҳақыйқат болып қалады. Мухаддес Китап — Қудай тәрепинен берилген бизиң исенимимиздиң тийкары. Масихыйлар көп мәртебе оның ҳақыйқатынан шетке шығып кетип, нәтийжеде азап шекти. Бирақ әдетте масихыйлар Мухаддес Китап тәлийматын билмегени яки түсинбегени себепли шетке шығады. Жәмәәт Қудайдың сөзиниң нени үйрететуғынын билсе ғана оған садық бола алады. Қудайдың сөзин үйрениў масихый өмирдиң ажыралмас бөлеги болып табылады. Масихыйлар екиленгенде, Мухаддес Жазыўдың тәлийматын бийкарлағанда яки түсине алмағанда, оның қағыйдаларынан шетке шығады ҳәм олар руўхый күшин жойтады. Бастан Мухаддес Китап қағыйдаларында қурылған исениўшилердиң көп шөлкемлери өзиниң руўхый тәсирин усы себепке байланыслы жойтып алды. Тек Қудайдың сөзине қайтыў ҳәм оның тәлийматына деген садықлық ғана Масихтың ҳақыйқый денесинде көриниўи керек руўхый өмирди қайта тиклей алады. Мухаддес Китап өзиниң Қудайдың сөзи деп аталыў ҳуқықын анық билдиреди: «Мухаддес Жазыўлардың ҳәммеси Қудайдың Мухаддес Руўхының илҳамы менен жазылған болып, тәлим бериў, әшкаралаў, дүзетиў ҳәм ҳақыйқатлық бойынша тәрбиялаў ушын пайдалы. Олар тийкарында Қудайдың адамы ҳәр бир жақсы иске таяр болыў ушын жетилисип барады» (Тимоф. 2-х. 3:16–17; және де, Петр. 2-х. 1:21 ге қараң). Ийса Масих былай деген еди: «Сизлер Мухаддес Жазыўларды изертлейсизлер. Ал олар Мен туўралы гүўалық береди» (Юхан 5:39). Бизлер жәмәәтте үйренетуғын барлық нәрселер тек Мухаддес Китапқа тийкарланған болыўы тийис. Китабымыздағы ҳәр бир қағыйданы биз Мухаддес Китапқа силтеме бериў арқалы тастыйықлайтуғынымызды байқаған шығарсыз. Келтирилген үзиндилерди және бир рет көзден өткизип шығың ҳәм бул сабақлардың бизлерди тек Мухаддес Китап бойынша нәсиятлайтуғынына исенимли болың. Мухаддес Китапта үйретилгенин түсинбей турып, жәмәәт ҳақыйқат пенен жасаўдан үмит те ете алмайды. МУХАДДЕС ЖАЗЫЎДЫҢ АБЫРАЙЫ Еркин еллерде жасаўшы масихыйлар Мухаддес Китаптың әҳмийетин тән алады. Деген менен, оны еркин пайдалана ала турып, олар оның қәдирин онша биле бермейди. Ал егер ол қол жетпес болып қалса ше? «Сиз Қудайдың сөзин жүрегиңизге сақладыңыз ба?» (Забур 118:11 ге қараң). Қолыңызда Мухаддес Китап болмаған ўақытта, сиз оның тәлийматының тийкарларын анық түсине аласыз ба ҳәм Ийемизге садық болып қала аласыз ба? Ийса бизлерге өзимиздиң Қудайдың сөзинен толық ғәрезли екенлигимиз бойынша ең жақсы мысал көрсетип берди. Ол бәрқулла Мухаддес Жазыўлардан үзиндилер келтиретуғын еди. Мысалы: шайтан Оны шөлде сынағанда, Ол шайтанның ҳәр бир ҳүжимине Мухаддес Жазыўдан үзиндилер келтириў менен жуўап берди (Матта 4:1–11 ге қараң). Ийса Өз тәлийматын Ески Келисим Жазыўларына тийкарлады ҳәм оларды жийи-жийи тарийхый мысаллар сыпатында қолланды. Ийса ҳәр бир китаптан бир рет болса да үзинди келтире отырып, Өзиниң қудайлық абырайы менен Ески Келисимниң ҳақыйқый екенлигин тастыйықлады деп айтыўға болады! Әсиресе Ийсаның Мухаддес Жазыўды Өзи өлип, өлимнен тирилгенинен соң қолланғанын атап өтиў қызықлы болады. Ийса Өзиниң еки шәкирти менен Эммаусқа баратуғын жолда кетип баратырып, «Муўсаның ҳәм барлық пайғамбарлардың Жазыўларынан баслап, Мухаддес Жазыўлардың ҳәммесинде Өзи ҳаққында айтылғанларды оларға түсиндирип берди» (Лука 24:27). Елшилердиң ислери китабынан ерте заманлардағы жәмәәттиң турмысында Мухаддес Жазыў орайлық орында турғаны анық болады. Елшилер оны Елиўинши күни байрамында болған ўақыяларды түсиндириў (2:16–21 ге қараң), Ийсаның Масих екенин дәлиллеў (2:25–28 ге қараң), Масихтың ўазын тастыйықлаў (8:29–35), қуўдалаўларға қандай қатнаста болыўды (4:23–26), қуўдалаўлар дәўиринде жәмәәттиң орнын (7:1–53) ҳәм бутқа табыныўшы миллетлерден болған исениўшилерге деген қарым-қатнасты анықлаў ушын (15:14–21 ге қараң) қолланған. Жаңа Келисим масихыйлары ҳәм хатлардың авторлары Ески Келисимди өз орынларын дәлиллеў ушын қолланғаны бойынша жүзлеген мысаллар бар. Бул Мухаддес Китап тәлийматы ушын жүдә әҳмийетли болып, ҳәзир де Хош Хабаршы исениўшилер арасында байқалатуғыны қуўанышлы. Ҳақыйқаттан да, Мухаддес Китап Қудайдың билим булағы. Ески Келисим китаплары мыңлаған дәўирлер даўамында еврей халқы тәрепинен дүзилип келген ҳәм Масих бул Жазыўлардың ҳақыйқый екенлигин тастыйықлады. Ерте заманлардағы жәмәәт оларды басқышпа-басқыш Жаңа Келисим китапларына қосып барды ҳәм Мухаддес Руўх олардың абырайын тастыйықлады. Масих келгеннен соң, I ҳәм II әсирлерде, ерте заманлардағы жәмәәт жетекшилери Мухаддес Китаптың көрнекли искерлери ҳәм Ийсаның Өзи ислегениндей, өз тәлийматларын тастыйықлаў ушын, Хош Хабарлардан, Павелдиң, Юханның ҳәм Петрдиң хатларынан алынған үзиндилерден пайдалана баслады ҳәм абырайлы Мухаддес Жазыўларға силтеме берди. Ал сол ўақытта бизиң эрамыздың басқа жүзлеген руўхый китаплары абырайлы китаплар сыпатында қабыл етилмегенде, Жаңа Келисимниң барлық китаплары кем-кемнен тайсалмас абырайға ийе болды. III әсирге келип, жәмәәттиң руўхый жетекшилери ҳәмме жерде бүгин Жаңа Келисим деп аталатуғын барлық китапларды тән алды ҳәм қабыл етти. Халықаралық жәмәәтлер қурылтайы да бул китаплардың «канон» яки рәсмий түрде тән алынған Жаңа Келисимниң мазмуны болыўы тийис екенин тастыйықлады. Деген менен, ҳәммемиз де негизинде бул таңлаўды Мухаддес Руўх ислегенин ҳәм адамлар оны тек тастыйықлағанын түсинемиз. Шайтан Мухаддес Китаптың әҳмийетли екенине екилениў туўдырмайды. Ал тарийхтың барлық әсирлеринде ол Мухаддес Китапты жоқ қылыўға ҳәрекет етип келмекте. Шайтан оны Жаңа Келисим заманында римлилердиң, Гүңгирт әсирлерде жаўызлардың, Орта әсирлерде испан конкистадорларының, XVIII әсирде француз үзил-кесил ҳәрекеттиң тәрепдарларның, Екинши дүньяжүзлик урыс ўақтында нацистлердиң, өткен әсирде совет коммунистлери менен қытай революционерлериниң қолы менен жоқ қылыўға тырысты. Тарийхтың ҳәр түрли дәўирлеринде Мухаддес Китаптың лаўлаған отта жағылғаны ҳаққында еситиўге болады. Солай болса да, ол ҳәмме заманларда ҳәм ҳәмме халықларда ең көп оқылатуғын китап болып қала береди. Шайтан оны тек жоқ қылып қоймай, адамлардың оған деген исенимин де жоқ қылыўға ҳәрекет етти. Бир әўладтан кейин екинши әўлад оған қарсы жалған илим дәллиллерин ойлап таба берди. Деген менен, Мухаддес Китапқа қарсы ең тәсирли шайтан қуралы — бул бийпәрўалық болып табылады. Шайтан Мухаддес Китаптың китап тахталарында шаң басып жатқанына оны отта жаққан экстремистлердиң отына қарағандай қуўанып қарайды. Егер Мухаддес Китап жақсы, ҳәтте, жүдә әжайып китап деп есапласа, шайтанның кеўли толады. Адамлар оны набыт болып атырған дүнья ушын ҳақыйқаттан Қудайдың сөзи деп тән алыўы — шайтан ушын ең қорқынышлы нәрсе болып табылады! МУХАДДЕС ЖАЗЫЎДЫҢ БИЙЛИГИ Мухаддес Китаптың пайдасына шешилетуғын ең күшли дәлиллердиң бири — бул оған деген ҳәр түрли адамлардың — жаўызлардың, фашистлердиң ҳәм коммунистлердиң айқын жек көриўшилиги болып табылады. Бирақ не ушын олардың ҳәммеси Мухаддес Китаптан қорқады? Не ушын соншелли диктатор режимлер бул китаптың тарқатылыўын тоқтатыўға ҳәрекет етти? Бир күни Советлер Аўқамында, скандинавиялы еки жас қызды адамларға Мухаддес Китапты тарқатып атырғанда қолға алды. Милицияда оларға қопал қатнаста болды, олардың барлық затларын, соның ишинде көликлерин тартып алып, өзлерин елден шығарып жиберди. Ал басқа бир англичан адамды бундай «жынаят» ушын қамаққа салды. Не ушын? Себеби жазалаўшы ҳүкимет теңи-тайы жоқ болған Мухаддес Китаптың күшинен қорқады. Алдын биз масихыйлықты жоқ қылыў ушын жазалаўшы ҳүкимет қолланатуғын ҳәр қыйлы усылларды талқылаған едик. Қуўдалаўлар басында, әдетте олар Ийсаның тәлийматының өзлериниң тәлийматы туўры келетуғынын мақуллайды. Усының тийкарында, олар жас исениўшилерди өз идеологиясының тәрепдарлары бола тура, масихый болып қалыўға болады деп исендириўге тырысады. Бирақ олар және де, халыққа Мухаддес Китапта көп қарама-қарсылықлар бар екенин ҳәм оны ҳеш қашан да толық ҳақыйқатқа ийе китап деп есапламаў кереклигин бәрқулла сиңдириўге ҳәрекет етеди. Олар жийи өзлерине Мухаддес Китапта көп болып көринген «ертеклер» үстинен күлип, мысқыл етеди ҳәм тек исенимге тийкарланған тәлийматларды ылайықлы түрде түсиндирип бериўди талап етеди. Бундай топылысларға аз санлы масихыйлар таяр болады. Қытайдың баслы университетинде оқыйтуғын масихый талабалар топары бир күни масихыйлыққа қарсы болған муғаллимлерди сөйлетпей таслаған еди. Бирақ кейин ала ҳүкимет олардың «үгит-нәсиятын» қадаған етип, жас исениўшилерди өз талапларына көниўге зорлық пенен мәжбүр етти. Масихыйлар усындай аўҳалға түсип қалғанда, Мухаддес Китапты муқыятлы түрде үйрениўге кирисиўи тийис. Мухаддес Жазыўды еркин түрде үйрениў ўақты жүдә қысқа болатуғынына исенимли болыў керек. Тез арада Мухаддес Китап китап дүкәнларынан ҳәм ширкеўдеги саўда орынларынан жоқ болып кетеди. Жазалаў тәртибине ийе еллерде ҳүкимет өзлери сүйетуғын усылды қолланады. Яғный, Мухаддес Китапты дүкәнға ашық саўдаға қояды, бирақ оны сатып алыў ушын ҳүкиметтиң «айрықша» рухсаты керек болады. Бул демек, егер биреў «рухсат» алыўды қәлесе, полиция оны терис адамлар дизимине тиркеп қояды. Әлбетте, мәмлекет қадағалаўы астында болған баспахана әдетте Мухаддес Китапты басып шығармайды. Қытай ҳүкиметиниң Amity Bible Press баспаханасында Мухаддес Жазыўды басып шығарыўға рухсат бериўи айрықша жағдай болды. Бар болған мағлыўматларға қарағанда, бул баспахана Мухаддес Китаптың жигирма бес миллионын баспадан шығарды. Олардың көпшилик бөлеги тек нызамлы түрде рәсмийлестирилген жәмәәтлердиң ағзаларына ғана сатылады. Ал үй жәмәәтлериниң Мухаддес Китапқа деген мүтәжлиги қырқ миллион нусқадан ибарат. Айырым еллерде ҳәзирге дейин Мухаддес Китап жетиспейди ҳәм шопанлар бар болған қымбатлы нусқаларды адамларға қалай бөлистириў кереклигин билмейди. Вьетнамдағы бир үй жәмәәти Мухаддес Китапты ондағы аятларды жақсылап ядлаған исениўшилерге бериўге қарар етти. Сонлықтан Мухаддес Китапты Забурдағы 118-жырдың барлық бир жүз жетпис алты аятын қәтелеспей айтып бергенлерге бөлистирип берди. Биз де «Ашық есиклер» миссиясында Мухаддес Китап жетиспейтуғын еллерди тәмийинлеў ушын қолымыздан келген ҳәмме нәрсени ислеймиз. Өйткени тек Мухаддес Китапта ғана Қудайдың қутқарыўшы күши бар! ШЕГАРАСЫЗ МУХАДДЕС КИТАП Жақсы белгили болған қытай шопаны Вань Миньдао (Wang Ming-dao) қамақтан азат етилип, төмендеги сөзлерди айтқан еди: «Мен қамақта болған пүткил жигирма жыл даўамында, менде Мухаддес Китап болмады. Деген менен, жигирма бир жастан жигирма төрт жасқа дейин мен үйде жасадым ҳәм үй жумысларын ислеў ўақтында Мухаддес Китапты үйрендим. Мен көп үзиндилерди ядлап қалдым. Қамақта болған ўақтымда, бул аятлар бириниң изинен бири жүрегимниң төринен шығып, маған күш-қуўат берип турды. Егер Қудайдың усы сөзлери болмағанда, тек мен емес, ал мениң менен бирге болған басқа көп адамлар жеңилип қалған болар еди». Қытайдың қубла бөлегинен болған шопан Лам (Lamb) сол ўақытлары узақ қамақта болған еди. Ол былай деген еди: «Сонда мен Мухаддес Китап мектебинде не ушын соншелли көп аятларды ядлаў кереклигин түсиндим. Мен Мухаддес Китап аятларын бәрқулла қайталаў себепли ғана ес-ақылымды сақлап қалдым». 1. Мухаддес Китапты оқыў, оны үйрениў ҳәм ол туўралы пикир жүргизиў Жәмәәт қыйын жағдайларға тек Қудайдың сөзин үйрениў ҳәм ядлаў арқалы ғана жақсы таярлана алады. Масихыйлар Мухаддес Китапты толық билиўи керек. Оның мазмунын ядлап қалыўға Қудайдың Мухаддес Китапта билдирилген ой-пикирин түсиниў жәрдем береди. Мухаддес Китапты үйрениўге қандай қатнас пенен кирисиў тийис? Бириншиден, Мухаддес Китапты үйрениўге тек сиз ол туўралы айтып бермекши адамларға керектей болып емес, ал оны өзиңизге керек деген түсиник пенен кирисиң. Екиншиден, Мухаддес Китапқа кишипейил қатнаста болың. Мухаддес Китапты өзлериңиз еситкиңиз келген нәрселерди айтыўға мәжбүр етпең. Ал оны Қудайдың Өзи айтқан сөзлерди ашыў ушын үйрениң. Мухаддес Китап адамның билимге ерисиўине емес, ал оның өзгериўине арналған. Мухаддес Жазыў бизди қайта-қайта Қудайдың сөзлери туўралы ойланыўды буйырады. Бул ушын ўақыт ҳәм тәртип керек болады. Ал нәтийжеде биз руўхый жарылқаў ҳәм сый аламыз. Ой жуўыртыў — бул Мухаддес Китаптағы аятлар яки үзиндилерди түсиниў ушын, олардың ҳақыйқатларын өз өмиримизде қалай қолланыўға болатуғынын мақсетли түрде ойлаў болып табылады. Мухаддес Жазыў сөзлерин ис жүзинде қолланыў ушын, биз өзимизге тийкарғы үш сораўды бериўимиз тийис: • Мухаддес Китап аятларын биринши тыңлаған адамлар ушын бул аятлар нени аңлатқан? • Оларда ўақытқа бойсынбайтуғын қандай қағыйда жасырылған? • Мен бул қағыйданы қай жерде ҳәм қашан ис жүзинде қоллана аламан? Минекей, Мухаддес Китап аяты ямаса үзиндиси үстинде ой жуўыртыўдың алты жолы: • Оны көз алдыңызға келтирип көриң! Онда сүўретленген ўақыяны өз ойыңызда көз алдыңызға келтириң. • Оны айтып бериң! Оны даўыс шығарып, ҳәр сапар ҳәр қыйлы сөзлерди айрықша қылып айтың. • Оны өз сөзиңиз бенен гүрриң етип бериң! Өз гүрриңизди жазың. • Оны ойнап көрсетиң! Қаҳарманның атын өзиңиздиң атыңыз бенен аўмастырың. • Ол ушын дуўа етиң! Аятты дуўаға айландырың ҳәм ол туўралы Қудайға айтың. • Оны изертлең! Оған келеси сораўларды бериң: • Бул аят мен тәўбе етиўим тийис болған гүнамды әшкаралап атыр ма? • Бул аят мен дуўа ете алатуғын ўәделерди көрсетип атыр ма? • Бул аят мен өзгертиўим керек болған қарым-қатнасты көрсетип атыр ма? • Онда мен орынлаўым шәрт болған буйрық бар ма? • Онда мен алыўым керек болған үлги бар ма? • Онда маған дуўа етиўге жәрдем беретуғын нәрсе бар ма? • Онда мен ислеўден аўлақ болыўым керек қәтелер көрсетилген бе? • Онда мен исениўим тийис болған ҳақыйқатлар бар ма? • Онда мен Қудайға миннетдаршылық билдире алатуғын бир нәрсе бар ма? 2. Мухаддес Китап аятларын ядлаў Аятларды ядлаў жүдә әҳмийетли. Ҳәр бир масихый Мухаддес Китаптың тийкарғы аятларын ядқа билиўи шәрт. Мысалы: Юхан жазған Хош Хабар (3:16; 5:24), Ефеслилерге жазылған хат (2:8–9). Ҳәптеде ҳеш болмаса бир аяттан ядлап барыў жақсы болады. Ал еле де абзалырағы — күнине бир аяттан ядлаған мақул. Мысалы: сизиң қарым-қатнас топарыңызда, Мухаддес Китапты ядлаў жобасына бир баптан ядлаўды киргизсеңиз болады. Бир бапты еки яки үш адамға бөлистирип, кейин ала топар ағзалары ушырасып, сол бапты көширип жазса болады. Тәжирийбе арттырғаннан соң, бул барысты бәрқулла қадағалай отырып, ҳәтте, кишкене топарда да Юханның биринши хатын яки Филиплилерге жазылған хат сыяқлы Мухаддес Китап үзиндилерин ядласа болады. Ядлаўды тап ҳәзир баслаў әҳмийетли. Ҳәтте, сиз Мухаддес Жазыўдың пайдалы екенине ҳеш қашан гүманланбасаңыз да, буған күш жумсаў керек болады. Туўры бүгин-ақ баслаң! Бир жас масихый ҳүкиметти коммунистлер қолға киргизген Вьетнамның арқа бөлегинде жасайтуғын еди. Ол ант ишип, егер өзи және еркин елге түсип қалса, Мухаддес Китапты муқыятлы түрде үйренетуғынын айтқан еди. Кейин ала ол жасаған сол аймақ қубла Вьетнам әскерлери тәрепинен азат етилди ҳәм сол жас жигит өз антын орынлай баслады. Ол Мухаддес Жазыўдан аятларды ядлай отырып, Мухаддес Китаптың тийкарларын да түсиниўге ҳәрекет етти. Арадан бир неше жыл өткеннен соң, елдиң сол аймағы және коммунистлердиң мойынтырығы астына түсти. Бирақ бул сапар жас жигит қыйыншылықларға таяр болып шықты. Батысқа қашып кеткеннен соң, ол Мухаддес Китаптан ядлаған аятлары өзине қаншелли жубаныш ҳәм жигер болғаны ҳаққында гүўалық берди. Усы аятлар жәрдеминде, ол ҳәм бир неше исениўши туўысқан Қудайға сыйынып, бир-бирин қоллап-қуўатлай алды. Мухаддес Китап аятлары көбинесе музыка менен жақсы ядланады. Қосық түринде болған Мухаддес Китап аятларын көбирек ядлап қалыўға болады. Буннан тысқары, намаға салынған Мухаддес Китап аятлары арқалы Мухаддес Руўх бизиң руўхымызды лаўлатып, керекли жағдайда Мухаддес Жазыўдың мазмунын есимизге түсириў ушын оларды қолланады. Әлбетте, тек ядлаў — истиң басламасы ғана. Исениўшилер үзиндилерди ядлаўға ҳәм кейин оларды жазыўға жумсалған күш адамға олардың мәнис-мағанасын түсиниўге үлкен жәрдем беретуғынын байқады. Егер сиз бул сөзлерди ядлап қалыў мақсетинде, олар ҳаққында күшли түрде ойлансаңыз, олардың мәниси еле де түсиниклирек болады. Ядлаў бағдарламасының әҳмийетли қатнасыўшылары ҳәр бир топарда балалар болыўы керек. Жийи-жийи балалар ересек адамларға қарағанда жақсырақ ядлайды ҳәм олар ядлаған аятларды кейин ала келешек әўладқа бере алады. Ядланған үзиндилерди ҳеш болмаса айына бир мәртебе тәкирарлаў зәрүр болады. Жәмәәт үлкен үзиндилерди ядлағаннан соң, жәмәәттиң ҳәр бир ағзасы бир пүтин үзиндини қураў ушын, өзи ядлаған бөлекти жазыўы тийис. Солай етип, сизиң топарыңыз үзиндини ядтан қайта тиклеў ушын бөлек үзиндилерди қалай дүзиў кереклигин билип алады. Ҳақыйқый өмирде ҳәр түрли адамлардың қолынан жазылғанлар ҳәм ҳәр түрли қағаз бетлери әдетте гүман туўдырмайтуғын әпиўайы қағаз болып көринеди. Машинада басылған текстиң ямаса принтерден шығарылған текстиң кемшилиги — бул оның тинтиў ўақтында көзге тасланыўы болып табылады. Гонконгтан Қытайға жийи-жийи келип туратуғын бир жасы үлкен ҳаял бос ўақтының ҳәммесинде Мухаддес Китап аятларын жазып жүрди ҳәм кейин оларды өз үйинде ядлады. Оның Қытайдағы дослары оның жазбаларын жыйнап, оларды көз қарашығындай қылып сақлады. Дүньяның базы аймақларында оқыўды да, жазыўды да билмейтуғын исениўшилер бар. Бирақ олар Мухаддес Китапты ядлаў бағдарламасында әҳмийетли роль ойнаўы мүмкин. Саўатсыз адамлар ядлап қалыўы ушын, оларға бирдей үзиндини бир неше рет оқып бериў керек. Олар үзиндини басқа саўатсыз адамларға сол тәризде ядлатыўы мүмкин. Мыңлаған жыллар даўамында аўызеки дәстүрлер әўладтан-әўладқа усылай өтип келген. Усы мәнисте аудиокассеталар Мухаддес Жазыўды қолланыў ҳәм сақлаў бойынша әҳмийетли болған. Забур жыршысының кеңесине қулақ салып, Қудайдың сөзин өз жүрегимизде сақлаған ҳалда, биз енди болатуғын руўхый урыслар ушын күштиң бай тийкарына ийе боламыз. Қуўдаланған жәмәәттиң масихыйлары бул қағыйданы жақсырақ түсинсе керек. Көп жылларды қамақта өткизиўге мәжбүр болған исениўшилер Мухаддес Китап аятларын ядлаўдың айрықша әҳмийети ҳаққында айтады. Бурынғы Советлер Аўқамында, шопан Иван Антонов Хош Хабарды жәриялағаны ушын жигирма төрт жылдай қамақта отырды. Ол 1988-жылдың ноябринде азат етилди. Антонов артына бурылып қарап, былай дейди: «Ең баслысы, Қудайдың сөзин үйрениў ҳәм ядлаў болып табылады. Қамақта ҳәм лагерьлерде болғанымда, менде Мухаддес Китап болған жоқ. Бирақ ядымда қалғанын есиме түсире алдым. Ҳәр күни мен Ески Келисимнен еки баптан ҳәм Жаңа Келисимнен еки баптан тәкирарладым. Усыған байланыслы, мен Мысырда болған Юсупти ерксиз еске түсирдим. Дарқаншылық жылларында, ол бийдайдың мол зүрәәтин телеклерге жыйнады. Бирақ ашлық келгенде, ол телеклердеги бийдайды тарқатып бере баслады ҳәм сонда адамлар ашлықтан қутқарылды. Бул Мухаддес Жазыў мениң кеўлим ушын азық болды. Қудай мени бәрқулла таң азанда оятатуғын еди. Сол тәризде менде тыныш жағдайда дуўа етиўге ҳәм ойланыўға ўақыт болатуғын еди». Басқа бир рус туўысқанымыз Бенямин Маркевич лагерьден азат болғаннан соң мыналарды еске түсиреди: «Мен қамақта Мухаддес Китаптың өзим ядлаған баплары себепли көп жубаныш ҳәм жигер алдым. Бул аятлар мениң жаным ушын азық болды ҳәм маған шайтан күшлерине қарсы урыста жәрдем берди. Сол күнлер „жаўыз күнлер“ болып, „ҳәммесин жеңип, беккем тура алыў ушын“ айрықша күш керек болды». МУХАДДЕС КИТАПТЫ САҚЛАЎ Ядлаў бағдарламасына қосымша ретинде, сизиң қарым-қатнас топарыңыз Мухаддес Китаптың баспа нусқаларын сақлаў ушын бир нәрсе ислеўди баслай берсе болады. Мухаддес Китапты ҳәмме ўақытта ҳәмме ушын қол жетер китап болып қалады деп ойламаң. Ҳәр бир исениўшиде ҳеш болмаса Мухаддес Китаптың бир нусқасы болыўы ҳәм исениўши ҳәр күни оны оқып барыўы шәрт. Егер сиз еркин жәмийетте жасайтуғын болсаңыз, онда сиз Мухаддес Китапты өзиңиздиң Масихқа деген исенимиңиз сыпатында ашық алып жүриўиңиз мүмкин. Бирақ егер қуўдалаўлар ўақтында сизиң Мухаддес Китабыңызди таўып алса, оны тартып алыўы мүмкин. Сиз оны қалай сақлаў кереклигин ҳәм оның ҳүкимет адамларының қолына түспеўи ушын не ислеў кереклигин билесиз бе? Айырым исениўшилер оны тек қоңыр қағаз бенен орап қойыўдың жеткиликли екенин билди. Ал басқалар оның қабын алып таслап, оны бир неше киши китап қылады. Исениўши емес көп адамлар бөлеклерге бөлинген киши китаплардың Мухаддес Китап екенин биле бермейди. Ҳәр бир масихый хожалық Мухаддес Китаптың ҳеш болмаса бир нусқасын сақлап қалыўға тырысыўы тийис. Көп китапларды таўып, тартып алыўы мүмкин, ҳәтте, таўылмай қалған бир китаптың өзи исениўшилер топарына Хош Хабардың тазалығын сақлап қалыўға жәрдем береди. Есте сақлаңлар, масихыйлар өзлерине душпан жағдай туўылғанда, Мухаддес Китап аятларын ядта сақлаўы ҳәм Мухаддес Китаптың баспа нусқаларын сақлаўға тырысыўы керек. Егер сиз қарым-қатнас топарында ҳәзир-ақ еки бағдарлама бойынша ислей басласаңыз, олардың топарыңыздағы ағзалар арасында руўхый байланысларды беккемлеўге жәрдем берип, жыйналыстың жағдайын жақсылағанын ҳәм сизге Қудайдың сөзине деген бағышланыўды терең сезиниўди бергенин билесиз. Егер Мухаддес Китап нусқалары жағдайларға байланыслы шекленген болып қалса, онда сизге өзиңиз сақлап қалған Қудайдың сөзин тарқатыў бойынша жуўапкершилик алыўға туўры келеди. Сиз Мухаддес Китап қол жетпес болған басқа масихыйлар ҳаққында билип алсаңыз, олардың мүтәжлигин қандыра аласыз. Қуўдаланып атырған жәмәәт масихыйлары Мухаддес Китапты жасырын тарқатыў бойынша жүдә аўыр жағдайларда арттырған тәжирийбелер төмендегише: • Мухаддес Китапты бир пүтин китап қылып емес, ал бөлек-бөлек ҳалында тарқатқан аңсатырақ. • Мухаддес Китап нусқаларын оннан үзиндилерди көширип жазатуғын ҳәм оларды басқа исениўшилер арасында тарқататуғын адамларға бериң. • Жазалаўшы тәртипке ийе болған ҳәмме еллердиң де ҳүкиметлери ел ишиндеги почтаны қадағалай алмайды. Мухаддес Китаптың аз нусқаларын почта арқалы да жибериўге болады. Жиберилген нусқалар әпиўайы қағазға қолдан жазылған болыўы керек. Қағазды ҳәр бир қағаз-қәлем сатылатуғын дүкәннан сатып алыўға болады. • Әсиресе Мухаддес Китап текстлери намаға салынса, аудиожазбаларын қолланыў онша гүманлы болмаўы мүмкин. • Компьютерден пайдаланыўшылар Мухаддес Китапты дискет ҳәм лазер дисклеринде сақласа болады. Диктаторлық тәртипке ийе болған еллерде Мухаддес Китапты көбейтиў ҳәм тарқатыў қәўипли ҳәм қорқынышлы болыўы мүмкин. Бирақ, Мухаддес Китап аятларын ядлаў сыяқлы, бул ис те үлкен руўхый сыйды алып келеди. Ийемиз Оның сөзин тарқатыўдағы сизиң садықлығыңызды жарылқайды. Ҳәтте, бүгин де еркин жәмийетте жасасаңыз да, сиз жазалаўшы тәртипке жасайтуғын масихыйларға Мухаддес Китапты тарқатыўда қатнасыўыңызға болады. Сонда сиз олардағы тәлийматқа ҳәм Қудайдың сөзин тарқатыўға деген ҳүрметиниң қаншелли уллы екенине көзиңиз жетеди! Қытайдың қубла бөлегиндеги масихыйлар 1980-жылы «Ашық есиклер» миссиясынан Мухаддес Китаптың бир миллион нусқасын жибериўди соранды (бул илаж «Маржан жойбары» деген ат пенен белгили болды). Исениўшилер Қудайдың сөзин алыўды соншелли қәлегенликтен, төмендеги қосықты жазып, оны ҳәр күни айтатуғын еди: Ийемиз, Өз сөзиңди жибер, Өз қымбатлы нурыңды. Онда бар ҳақыйқат ҳәм сүйиспеншилик, Өмир тәлими менен өмир наны. Мен билемен, Қудайым мени алға жетелер, Ол жолымды жақты қылып, аспандағы үйге алып келер. Топардағы сабақлар Роллерге бөлинип, шынығыў өткизиў: Сиз топарыңыз бенен бир бөлмеге жыйналғансыз. Ол жерге сизлер Мухаддес Китапты алып келиўге рухсат етпейсиз. Ҳәр бир қатнасыўшы өзлериниң ядында болған Мухаддес Жазыўдың барлық аятларын қағазға жазып берсин. Соңынан оларды китаптағы түп нусқа менен салыстырың. Ең ақырында Мухаддес Китаптың қаншелли үлкен үзиндисине ийе болдыңыз? Өткизилген тәжирийбениң нәтийжелерин талқылаң. Талқылаў ушын сораўлар: 1. Сиз Мухаддес Китапты сынға алғанын еситип көргенбисиз? Масихый оған қандай қатнаста болыўы керек? 2. Ийса Масихтың Ески Келисим Жазыўларын әҳмийетли деп есаплағанына қалайынша исенимли болыў керек? 3. Оларға Мухаддес Китап аятларын ядлаў не ушын керек? 4. Мухаддес Китапты ядлаў жобасы көбинесе тийкарғы аятларды ядлаўды усынады. Пүткил бапларды ядлаў не ушын соншелли әҳмийетли? 5. Ҳүкимети Мухаддес Жазыўды қадаған еткен елге барып қалсаңыз, Мухаддес Китап нусқасын қалай сақлап қаласыз? Он бесинши бап Қудайдың қоллап-қуўатлаўы: Дуўа етиў Бәрқулла дуўа етиңлер. Дуўа еткениңизде, шүкирлик билдирип, сергек болыңлар. Колосалыларға 4:2 Вьетнамдағы шопан Ханың (Ha) жәмәәти коммунистлик тәртипте 1970-жылы бир неше жыл ишинде-ақ жигирма тоғыз адамнан бес мың адамға дейин өсип кетти. Шопаннан бундай таң қаларлық өсим ҳаққында сорағанда, ол былай деп жуўап берди: «Мениң тәлийматым әпиўайы. Машқалалар басланғанда, дуўа етиң! Егер машқалалар көбирек болып қалған болса, еле де көбирек дуўа етиң!» Бул жәмәәт ҳәр күни азанғы алтыда дуўа етиў жыйналысына жыйналатуғын еди. Сонлықтан ол кем-кемнен өсип бара берди. Исениўшилер бәрқулла басым астында жасағанына қарамастан, олардың сыйынатуғын имаратының дийўалында Мухаддес Китаптан алынған, олар жақсы көретуғын төмендеги аят жазылған еди: «Ҳәмме нәрсе ушын шүкирлик билдириңлер». Бир неше жыл қамақта болғаннан соң, шопан Ха былай деди: «Мен азат етилгенимде, ойларымда дерлик тынбастан дуўа етип жүрип, жумыс иследим. Қамақта болғанымда, дуўа етиў — бул ҳәммеси екенин түсиндим. Дуўа етиўдиң әҳмийети самолет ушып кетпестен алдын оның басқарыў үскенелерин тексериўдиң әҳмийети менен бирдей. Егер ушыўшы үскенелерди тексермесе, көп адамлардың өмирин қәўип астына қояды. Бизиң өмиримиздеги баслы үскене — бул дуўа етиў. Егер биз оны қалдырып қойсақ, бизиң барлық ислеримиз толық тәртипсизлик жағдайына келеди». Вьетнам шопаны Куонг (Cuong) алты жылдан көбирек ўақтын қамақта өткизди. Ол дуўа етиў ҳаққында төмендегилерди айтады: «Бурын мен жумыс пенен соншелли бәнт болып, дуўа етиўге ўақтым жоқ еди. Бирақ мен қамақта дуўа етиў ушын көп ўақытқа ийе болғаным себепли Қудайға миннетдаршылық билдиремен. Мен ҳәр күни дерлик алты саатлап дуўа ететуғын едим. Менде жәмәәтимдеги ҳәр бир адам туўралы ойлаўға ҳәм олар ушын дуўа етиўге жеткиликли ўақыт болды. Буннан бурын мен жәмәәтте хызмет еткен едим. Бирақ маған өз адамларым ушын дуўа етиўге ўақыт азлық ететуғын еди. Бирақ ол жерде дуўа етиў ўақтында, мен Қудайдың сол жерде екенин сездим. Сиз дизе бүгип, Ийемизге шын жүректен дуўа етсеңиз, Оннан дәрҳал-ақ жуўап аласыз». КҮШ ДУЎА ЕТИЎДЕ Дүнья жүзиндеги барлық динлер дуўа етиўдиң айрықша әҳмийетли екенин тастыйықлайды. Буддистлер өзлерин биреў еситип тур деп есапламаса да, өз дуўаларын инта менен қайталайды. Ҳиндлер өзлерин көп санлы ҳинд қудайларының бири еситеди деп исенип, үзликсиз дуўа етеди. Деген менен, олар да өз дуўаларына жуўап күтпейди. Ал мусылманлар күнине бес рет дуўа етеди. Олар өзлерин Алланың еситетуғынына, бирақ өзлериниң мүтәжликлерин қандырыў ушын Оның Өз жобаларын өзгертпейтуғынына исенеди. Садық буддистлер, ҳиндлер ҳәм мусылманлар масихыйлықты дуўа етиўди талап етпейтуғын дин деп есаплайды. Өйткени олар масихыйлардың дуўа еткенин сийрек көреди. Бирақ масихыйлар өз дуўаларын тек еситетуғын емес, ал оларға Өзиниң қүдиретли күши менен жуўап беретуғын Қудайының бар екенине исенеди! Масихый исенимниң тийкарғы ойы Ески Келисимде терең тамырларға ийе. Даўыт жәмәәтлерге Забур жырлары түринде бай дуўа етиў мийрасын қалдырған ҳәм көплеген заманагөй масихыйлар бул мийрасты үйрене отырып, өзиниң дуўа етиў өмирине жаңа мәнис береди. Бирақ дуўа етиў ҳаққында ең уллы сабақты масихый Ийса Масихтың тәжирийбесинен алады. Әўладтан-әўладқа өтип, масихыйлар Ийсаға Оның шәкиртлери сыяқлы келип: «Ийем! Бизлерге дуўа етиўди үйрет», — дейди (Лука 11:1). Ийса сөзи ҳәм иси арқалы тәлим берди. Оның өмири дуўа етиўге толы болды. Мухаддес Китап Оның дуўа етиў ушын таң азанда турғанын сөз етеди (Марк 1:35 ке қараң). Мухаддес Жазыўдың ҳәмме жеринде Ийсаның Өз өмириндеги ҳәр бир әҳмийетли ўақыядан я бурын, я кейин дуўа еткенин көремиз (Лука 6:6–13; 9:29–29; Матта 14:19; 15:36; Юхан 17 ге қараң). Дуўа етиўдиң Оның өмириниң жүдә әҳмийетли бөлеги ҳәм Оның өлиминиң ең әҳмийетли бөлеги болғаны пүткиллей анық. Ийса Гетсимани бағынан баслап, атанақ ағаштағы соңғы дуўасы менен жуўамақлай отырып, бәрқулла дуўа етиў менен илгерилеп бара берди. Оның дуўа етиўи шәкиртлерине үлкен тәсирин жасады. Және де, Ийса оларға дуўа етиўди буйырды (Юхан 16:24 ке қараң) ҳәм оларды дуўа етиўге байланыслы көп нәрселерге үйретти (Матта 6 ҳәм 7 ге қараң). Ҳәтте, Ийса шәкиртлерине дуўа етиў үлгисин берди (Матта 6:9–13 ке қараң). Усы үлгиге сай, биз Қудайды алғыслаўымыз, Оның минсиз еркин излеўимиз, күнделикли мүтәжликлеримизде Оған сүйениўимиз, Оннан кеширим сораўымыз, басқаларды кешириўимиз, азғырылыўларда Оның қорғаўын сораўымыз ҳәм Оны мақтаўымыз тийис. Ийса дуўа еткенде дүзилисине қарағанда, мақсет ямаса жүректиң жасырын нийети анағурлым әҳмийетлирек екенин айтқан еди. Сиз өзимшил мақсетте сорап атырғанлықтан, ала алмай атырсызлар (Яқып 4:3 ке қараң). Дуўа еткениңизде, бутқа табыныўшылар сыяқлы, адамларға көрсетиў ушын дуўа етпеңлер. Ал аўлақ кетиң, сонда жасырынлықты еситиўши Қудай Әке сизди сыйлықлайды (Матта 6:5–6). Ийса Масих бизге Оның аты менен дуўа етиў сыяқлы таң қаларлық артықмашылықты да берген. Бул унамлы нәтийжелердиң гиреўи болған «сырлы формула» емес. Бул — бизге Қудайдың дәргайына кириўге ҳәм Ийса қалай қабыл етилген болса, солай қабыл етилиўге жол ашатуғын артықмашылық! Ийсаның аты менен дуўа етиў бизиң еркимиз бенен мақсетлеримиздиң Оның ерки ҳәм мақсетлери менен үнлес екенин аңлатады. Усы мәнисте Ийса былай деген еди: «Мениң атым менен бир нәрсе сорасаңлар, Мен оны орынлайман» (Юхан 14:14). Бизлерге бир нәрсени ис жүзинде көрсетиў ушын, Ийса Өзиниң ең уллы кәраматларының бирин ислеп, Лазарды өлимнен тирилтти. Юхан Ийсаның көзлерин аспанға тигип, былай дегенин айтады: «Әке! Мениң тилегимди еситкениң ушын, Саған миннетдаршылық бидиремен. Мени ҳәмме ўақыт еситетуғыныңды билемен. Бирақ Мен буны усы жерде турған халық ушын айттым» (Юхан 11:41–42). Дыққат аўдарыңлар, Қудай Ийсаның дуўасын бәрқулла еситеди. Сол сыяқлы, Ол Ийсаның аты менен айтылған ҳәр бир дуўаны да еситеди. Мусылманлардың исеними бойынша, Алла соншелли уллы болғанлықтан, исениўшилердиң дуўаларына жуўап бериў ушын, Ол Өз жобаларында ҳеш нәрсени де өзгертпеди. Бул дәслеп тәсирлендиреди. Бирақ Ийсаның тәлийматы оннан да уллырақ. Бизиң Қудайымыз дуўа етиўди Өз күшин көрсетиў усылы сыпатында қолланыўды шешти ҳәм Ол Өз еркине сай, бизлер менен қарым-қатнаста болып, бизлерде көринеди! Перзентлери Оған Әке сыпатында жалбарынғанда, Ол Өзиниң нийетлериниң иске асырылыўына қарсы бағдарланған жағдай ҳәм ўақыяларды өзгертеди. Ол мәңгиликте де усыны буйырған! Қытай масихыйларында мынадай бир әжайып уран бар: «Көп дуўа етилсе, көп күш болады, аз дуўа етилсе, аз күш болады!» ҚАШАН ДУўа ЕТИЎ КЕРЕК? Жаңа Келисим жәмәәтиниң әпиўайы ҳақыйқаты дуўа етиўге деген қатнасы арқалы анық түрде көринеди. Жәмәәт ўәде етилген Мухаддес Руўхты күткенде де, дуўа еткен еди (Ел. исл. 1:14 ке қараң). Яҳуда Исқариоттың орнына басқа адамды таңлаў керек болғанда да, бул ушын дуўа етиў мақсетинде, бир жүз жигирма исениўши бирге жыйналды. Оларға Мухаддес Руўх түскенде де, олар дуўа етиў ушын жыйналған еди (Ел. исл. 2-бапқа қараң). Усы уллы ўақыядан соң да, олар дуўа етиўге қайтты (Ел. исл. 2:42 ге қараң). Ҳүкимет оларды қорқытқанда да, олар және дуўа етти (Ел. исл. 4:23–31). Елшилердиң ислери китабының 4-бабындағы бул дуўа етиў қуўдалаў жағдайындағы дуўа етиў үлгиси болып табылады. Онда олар Қудайдың жалғыз бийлигин тән алады, Мухаддес Китаптағы қуўдалаўлар болады деген пайғамбаршылықларды еске түсиреди ҳәм оны болыўы керек нәрсе сыпатында қабыл етеди. Олар қуўдалаўлардан қутылыўды сорап, дуўа етпейди, ал батыллық ҳәм күш сорайды. Дыққат аўдарың, Қудай усындай дуўа етиўге кеўли толды ҳәм оған ең кәраматлы түрде жуўап берди (Ел. исл. 4:31 ге қараң). Ерте заманлардағы жәмәәттиң дуўа етиўден ғәрезли болғанын пүткил Елшилердиң ислери китабынан көриўге болады. Сол заманларда исениўшилер нелерге дуўшар болса да: я сырттан қуўдалаўлар (7:59–60 ға қараң), я жәмәәт ишинде қарама-қарсылықлар (6:1–4 ке қараң) яки исенимге жақында келгенлер Мухаддес Руўхтың күшине мүтәж болғанда (8:14–17 ге қараң), олар дуўа еткен. Ийемиз Өз жәмәәтинде бир нәрсени өзгертпекши болғанда, Ол буны дуўа етиў жәрдеминде ислеген. Ол басқа миллетлерге Петрди жибериўди қәлейтуғынын Петр дуўа еткенде билдирген еди (Ел. исл. 10:9 ға қараң). Антиохиядағы жәмәәт дуўа етип турғанда, Ол Павел ҳәм Барнабаны жәмәәттиң биринши елшилери сыпатында ажыратып берди (Ел. исл. 13:2–3 ке қараң). Елши Павел бәрқулла дуўа етиў кереклигин хызметиниң басынан ақырына дейин үлги қылып көрсетти. Ол дуўа етиўди исениўшиниң өмиринде соншелли әҳмийетли деп есаплап, өзиниң ҳәр бир хатында ҳәмме ўақытта оны еске алды. Оның тәлийматы Масихтың қысқа тәлийматын раўажландырып, кеңейтип барады. Әсиресе елшиниң хатында келеси қатарлар әҳмийетли: • «Бәрқулла дуўа етиңлер. Дуўа еткениңизде, шүкирлик билдирип, сергек болыңлар» (Колоса. 4:2) • Тынбай дуўа етиңлер(Салоника. 1-х. 5:17). • Ең алды менен исениўшилерге мынаны үйретиўиңизди өтиниш етемен: олар Қудай алдында ҳәмме адамлар ушын сорап, дуўа етип, жалбарынып, миннетдаршылық билдирсин. Патшалар ҳәм басшылар ушын да дуўа етсин. Сонда бизлер Қудайдың жолы менен ҳадал жасап, парахат ҳәм тыныш өмир сүремиз» (Тимоф. 1-х. 2:1–2). Қуўдалаўлар жағдайында, Павел хызмет етиў бойынша үлкен жеке тәжирийбеге ийе болды ҳәм усыған байланыслы тынбай дуўа етиўди кеңес етти (Ел. исл. 16:25 ке қараң). Ол Қудайдың әжайып қутқарыўын бастан кеширип, қутқарылыўдың дуўасына берилген жуўап екенине исенди (Коринф. 2-х. 1:9–11 ге қараң). Яқып та дуўа етиўдиң тәжирийбелик әҳмийети ҳаққында сөз етеди. Ол Қудай дуўаға керекли даналық пенен жуўап беретуғынын үйретеди (Яқып 1:5 ке қараң). Тағы да, ол шыпалаў бойынша да анық тәлим береди (Яқып 5:13–16 ға қараң). ҚАЛАЙ ҲӘМ НЕ УШЫН ДУЎА ЕТИЎ КЕРЕК? Мухаддес Китаптағы дуўа етиў бойынша изертлеў барысында, биз дуўа етиўдиң Қудай менен сөйлесиў екенлигин көремиз. Матта жазған Хош Хабарда (6:9–13) Ийсаның Өз шәкиртлерине берген дуўа етиў үлгисине тийкарлана отырып, Ийемиздиң дуўасын алты бөлимге бөлиўге болады: 1. Алғыс «Аспандағы Әкемиз! Сениң атың мухаддес бола берсин» Биз Қудайды дуўаларымызда алғыслап, Оған мийрим, қайырхомлық ҳәм жарылқаў ушын миннетдаршылық билдиремиз. Алғыс ҳәм шүкирлик — бизиң Қудайға деген жалбарыныўымыздың әҳмийетли бөлеги. Қудай бизиң алғысымызға ылайық ҳәм Мухаддес Жазыў бизди Оны бәрқулла алғыслап, мақтаўға шақырады (Забур 104:1–2; Шығыў 15:11 ге қараң). Қудай бизиң алғысымызға мүтәж емес, ал биз өзимиз Оны алғыслаўымыз шәрт! Айтқан алғысымыз, ҳәтте, жағдайымыз жаман болғанда да, бизиң Оның ғәрезсиз күшине деген исенимимизден дерек береди. Қуўғын ҳәм қуўдалаўлар жағдайында жасап атырған жетик масихыйлар бизди биргеликте Қудайды алғыслаўға ҳәм жүрегимизди алғыс пенен шүкирликке қаратыўға шақырды. Себеби усылай етсек ғана Оның жеке бийлигин тән алып, атына даңқ келтиремиз ҳәм өз-өзимизди беккемлеймиз. Олар берген гүўалықларға қарағанда, қыйын аўҳалға қарамай, биз Қудайды алғысласақ, Қудай исенимди ҳүрмет етеди. Алғыслаў дуўасына Қудайдың Өзиниң ғайрытәбийғый араласыўы менен жуўап бергени бойынша көп ўақыяларды санап өтиўге болады. Есте сақлаңлар, Қудай сизиң аўҳалыңызды өзгертиўине, яки өзгертпеўине қарамай, Ол — Қудай ҳәм сонлықтан Ол бизиң алғысымыз бенен миннетдаршылығымызға ылайық! 2. Мақсет «Сениң Патшалығың келсин. Аспанда орынланғаны сыяқлы, жерде де Сениң еркиң орынлансын» Дуўа еткеңизде, сиз өз өмириңизди, хожалығыңызды, жәмәәтиңизди, жумысыңызды, келешегиңизди, қалаңызды, халқыңызды ҳәм пүткил жер жүзин Қудайдың еркине тапсырасыз. 3. Тәмийинлеў «Бизлерге бүгин де күнделикли нанымызды бере гөр» Дуўа еткеңизде, сиз Қудайдан өзиңиздиң күнделикли мүтәжликлериңизди тәмийинлеўди сорайсыз. Мухаддес Жазыўда бизге биринши гезекте барлық машқалаларымызды Ийемизге тапсырыў ҳәм ҳеш нәрсе туўралы қайғырмаў буйырылған көп орынлар бар. 4. Кеширим «Бизлердиң гүналарымызды кешире гөр» Дуўа етиўдиң және бир бөлеги гүналарды мойынлаў болып табылады. Биз ҳәммемиз де Ийемизди қапа қыламыз ҳәм гүна ислеймиз. Сол сыяқлы, егер Оның алдында гүналарымызды мойынласақ, Оның ўәдеси бизди тазалайды ҳәм бизге үлкен қуўаныш әкеледи (Юхан 1-х. 1:9 ға қараң). Биз Қудайдың дәргайына дуўа етип кирсек, Оған унамаған исимизди Мухаддес Руўхтың әшкаралаўына жол қойған боламыз. Сонда биз Қудайдың өзимизди кеширетуғынына исенип, тезлик пенен өз гүнамызды мойынлаймыз. Бизиң мойынлаўымыз анық болыўы ҳәм буннан тысқары, биз барлық шығынларды өтеўге ҳәм Ийемиз көрсеткен нәрселерди қайта тиклеўге таярлықты сезиўимиз тийис. 5. Адамлар «Бизлерге гүна ислегенлерди кеширгенимиздей…» Басқа адамлар ушын сораныў — дуўа етиўдиң әҳмийетли бөлеги. Өйткени бул дуўа етиў бизлерден кеширим сорамаған ҳәм кеширим сорамайтуғын адамларды кешириў болып табылады (Матта 5:44 ке қараң). 6. Қорғаў «Бизлердиң азғырылыўымызға жол қоймай, шайтаннан қутқара гөр» Бизлерге ҳәр күни руўхый урысларда қатнасыўға туўры келеди. Шайтан азғырыў ҳәм қорқыныш жәрдеминде бизди жеңилиске ушыратыўға тырысады. Сиз қорғаўды сорап дуўа еткенде, бир күн даўамында ҳәммени ҳәм ҳәр қандай жағдайды жеңип өтиўге керекли болған исенимге ийе боласыз (Юхан 1-х. 4:4 ке қараң). ДУЎА ЕТИЎДИҢ БАСҚА ӨЛШЕМЛЕРИ 1. Ўәделерди есте сақлап, дуўа етиң Мухаддес Китапта дуўа етиўге байланыслы көп әжайып ўәделер бар. Егер Қудайдың сөзи етилген дуўаға тосаттан берилетуғын жуўапларды ўәде еткенде, онда биз үлкен утыслы ойыннан үмит еткен ойыншыларға уқсап қалған болар едик. Бирақ Мухаддес Китап бундай үлкен ўәделер ҳаққында былай сөз етеди: • «Әке Улы арқалы уллыланыўы ушын, Мениң атым менен не сорасаңлар да, ҳәммесин орынлайман» (Юхан 14:13). • «Сораңлар, сизлерге бериледи. Излеңлер, табасызлар. Есикти қағыңлар, ол сизлерге ашылады» (Матта 7:7). • «Мени шақыр, сонда Мен жуўап беремен, саған өзиң билмейтуғын уллы ҳәм қол жетпес нәрселерди көрсетемен» (Ерем. 33:3). Бул ўәделер бизге өзимиздиң барлық машқалаларымызды Ийемизге тапсырып, мақсетлеримиздиң дурыс болыўына дыққат қаратыўға қәлеў туўдырыўы тийис (Яқып 4:3 ке қараң). 2. Мухаддес Руўхтың даўысына қулақ салып, дуўа етиң Дуўа етиў ўақтында, Мухаддес Руўхтың басқарыўы ушын ашық болыў жүдә әҳмийетли. Ол бизге Қудайды алғыслаўға жәрдем береди ҳәм қандай мүтәжликлер ушын дуўа етиў кереклигин ядымызға салады. Гейде Ол биз дуўа еткенде атап өткен қыйыншылықлар ҳәм мүтәжликлеримизге байланыслы қандай ис-ҳәрекет етиўимиз тийис екенлигин жүдә анық көрсетеди (Юхан 16:13–14 ке қараң). Жийи-жийи Ол бизди мүтәжликлеримиз бойынша өзимиз жуўап ала алатуғын Мухаддес Китаптағы анық бир аятларға алып келеди. Бул ҳаққында әсиресе Яқыптың хатында (1:5) айқын түрде сөз етиледи: «Егер араңыздағы бириңиздиң даналығы кем болса, ҳәммеге сақыйлық пенен, айыпламай беретуғын Қудайдан сорасын. Қудай оған береди». 3. Анық тилеклердиң орынланыўын күтип, дуўа етиңлер Соранып, дуўа етиў анық болып, оның орынланыўын күтиў зәрүр. Биз өз өмиримизде, жәмәәтте, досларымыз ҳәм жақынларымыздың өмиринде мүтәжликлеримиздиң қандырылғанын көргенимизде, тек анық сораныўлар ғана исенимди жаратыўшы қуўанышты беретуғынын билемиз. Етилген дуўаларға Ийемиздиң жуўап бергенин белгилеп барыў ушын, қандай мүтәжликлер ушын дуўа етиў кереклигин жазып барыў жүдә әҳмийетли. Әлбетте, биз бәрқулла дуўа етип барыўымыз тийис. Айырым масихыйлар Қудайдан қандай да бир мүтәжликлердиң қандырылыўын сораўдан қорқады. Өйткени негизинде олар Қудайдың өзлериниң дуўаларына жуўап бериўинен қорқады. Олардың исеними ҳәлсиз болып, олар өз дуўаларының тәсирсиз екенлиги ҳаққында ойлаўды қәлемейди. Егер биз Мухаддес Жазыўды үйренип барсақ, Қудайдың дуўа еткенимизди күтиўимиз тийис екенлигин билип аламыз. «Сонлықтан да, сизлерге айтатуғыным: дуўа еткениңизде нени сорасаңлар да, алатуғыныңызға исениң, сонда ол сизлерге бериледи» (Марк 11:24). Жеңимпаз масихыйды анықлаўдағы бирден бир шешиўши минезлеме — оның ҳақыйқаттан Қудай менен дуўа етип, сөйлесиў бойынша тәжирийбесиниң болыўы болып табылады. Масихыйлыққа қаслық жағдайда болған исениўшилер топарының жеңиси туўралы да усылай айтыўға болады. Қудай менен дуўа етип сөйлесиўди тәсирли қылыў ушын топар не ислеўи тийис? Бириншиден, Мухаддес Китаптың дуўа етиў туўралы не айтқанын үйренип шығыў зәрүр. Мухаддес Жазыўда берилген дуўа етиў арқалы Қудайдың күшине ерискен адамлардың мысалларын үйрениң. Мухаддес Китап тәлийматы өмириңизге тәсир жасаўы ушын, сиз оны билиўиңиз зәрүр. Мухаддес Китаптың саў тәлийматы сизиң қарым-қатнас топарыңызда бәрқулла баян етилиўи ҳәм ис жүзинде қолланылыўы тийис. Ески ҳәм Жаңа Келисимде исениўшиниң өмиринде дуўа етиўдиң ис жүзинде қолланылыўын көрсететуғын қымбатлы үзиндилер бар. Егер мүмкиншилиги болса, исенимге жақында келген ҳәр бир исениўшиге жетискен масихыйды дуўа етиўде шерик қылып бекитиў мақсетке муўапық болып табылады. Олар үзликсиз ушырасып турыўы ҳәм ҳәр түрли дуўа етиўди теорияда да, ис жүзинде де үйренип барыўы керек. Жас исениўши дуўа етиўде шыныққан ҳәм тәўеллешиге айланғанда, онда оның өзи де исенимге жақында келген басқа исениўшиге дуўа етиўде шерик бола алады. ДУЎА ЕТИЎДИҢ АРНАЎЛЫ ҚӘСИЙЕТИ Исениўшилер дуўа етиўде күшли болыўы ушын, жәмәәт қандай мүтәжликлер ушын дуўа етиў кереклигин айырып билиўди үйрениўи тийис. Мухаддес Китапта дағдарыслар ўақтында не нәрселер ушын сораныў керекли айтылған болып, бизлерди олардың жәрдеминде дуўа етиўге шақырады. Деген менен, дағдарыслар жийи жүдә аз дуўа етиўдиң нәтийжеси болып табылады. Егер биз кишкене мүтәжликлеримиздиң үлкен мүтәжликлерге айланып кетиўин күтип турмай, оларды Ийемизге алып келсек, көп дағдарыс жағдайлардан аман қаламыз. Бизиң Қудайымыз өмиримиздеги майда нәрселер менен қызықсынбайтуғындай соншелли бәнт емес. Мухаддес Жазыўда әпиўайы шымшық яки басымыздағы шашлар сыяқлы нәрселер менен де Қудайдың қызықсынатуғыны ҳаққында айтылған. Гейде жас исениўшилер тек «әҳмийетли» нәрселер ушын ғана дуўа етиў керек деп, надурыс пикирлейди. Биз Қудайымыздың Өз перзентлериниң өмириндеги ҳәр бир нәрсени анық билиўге қызықсынатуғынын көрсетиўимиз керек. Қудайдың ўәделерин бәрқулла қайталап барыў жүдә әҳмийетли. Биз Қудайдың дуўаларымызға жуўап беретуғынына исенемиз. Өйткени Оның Өзи усыны ўәде еткен. Күтиў сезими тәшиўишли сезим болыўы мүмкин. 1. Анық мүтәжликлер Егер биз өмиримиздеги анық мүтәжликлер ушын дуўа етсек ҳәм өз сораныўымызды Мухаддес Китаптағы белгили бир ўәделерге тийкарласақ, дуўа еткен нәрселеримиз бойынша алған жуўапларымыз исенимимизди беккемлейди. Әне, сол себептен анық дуўа етиў ҳәм қандай мүтәжликлер ушын дуўа еткенимизди жазып барыў жүдә әҳмийетли. Жас исениўшилер Қудайдың басқа исениўшилердиң белгили бир нәрселер ушын еткен дуўасына берген жуўабын таң қалып қабыл етеди! Бундай гүўалықлар олардың өзлериниң де дуўаларына Қудайдың жуўап беретуғынына исенип, дуўа етиўине мүмкиншилик жаратады. Мүтәжликлер менен қәлеўлер арасындағы айырмашылықты түсиниў әҳмийетли. Көп ҳәлсиз масихыйлар бул айырмашылықты түсинип жетпейди. Олар Қудайдың өз қәлеўлерин орынлаўын талап етеди. Бирақ Қудай олар ушын нениң пайдалы екенин биледи ҳәм сонлықтан олар сораған нәрселерди жийи-жийи бермейди. Буның нәтийжесинде олар қапа болып, душпан ушын жеңил олжаға айланады. Вьетнам урысы ўақтында ракетадан от атылғанда, Ийемиз жас әскерге масихыйлардың ҳеш бири де набыт болмайтуғыны бойынша исеним берди. Деген менен, арадан бир қанша ўақыт өткенде, дуўа етип турғанлардың бири аўыр жарадар болды. Бирақ ол аяғына тийген оқ себепли, қатты азап шексе де, ҳеш ким өлтирилмегени ушын Қудайға шүкирлик билдирди. Оның аўыр жарақаттан азап шегиўди қәлемегени аттан анық, бирақ Ийемиз бул ўақыяны исенимге жақында келген бир неше әскердиң исенимин беккемлеў ушын ислетти. 2. Түр Биз дуўа етиў ўақтында қандай түрде болыўымыз тийис? Мухаддес Китапта дуўа етиў ўақтында бас ийген (Жарат. 24:26 ға қараң), дизерлеп турған (Пат. туўр. 3-к. 8:54 ке қараң), Қудай Ийе алдында ет-бетинен жығылып, жерде жатқан (Матта 26:39 ға қараң) адамлар мысал етип көрсетилген. Адамның қандай түрде болыўы оншелли әҳмийетли емес екени анық. Мысалы: Нехемия китабында (2:4–5) патша сораў берген адамның жуўап бериўден алдын тез дуўа еткенин көремиз. Ол қолайласып отырып алып, жүзине керекли түрди берген жоқ. Ол тек қысқаша дуўа еткен еди ҳәм Ийемиз оны еситип, дуўасына жуўап берди. Көп масихыйлар қуўдалаўлар ўақтында бундай дуўа етиўдиң жүдә пайдалы екенин билип алды. Биз қыйын жағдайларға түсип қалғанымызда, Ийемизге өз жүрегимизде жалбарынсақ, Оның бизлерди еситетуғынын билемиз. Басқалардың бизлер менен бирге дуўа етиўи ушын, тез-тез даўыс шығарып дуўа етиў пайдалы болады. Тағы да, ишимизден дуўа етиў де әҳмийетли. Патшаға жуўап берместен бурын, Нехемияның қысқаша дуўа еткени үнсиз дуўа етиў болып табылады. Гейде жалынлы, бирақ үнсиз дуўа етиў жақсырақ екенин жәмәәт түсиниўи тийис. Ҳүкимет ашық ҳәм қулаққа еситилген дуўа етиўди еситиўи ҳәм тийисли шаралар қолланыўы мүмкин. Жүректиң терең қәлеўлерин көрсетиўши жасырын дуўа етиў Ийемизге ҳәр қандай тосқынлықсыз усынылыўы мүмкин. Адам атызда мийнет етип атырып, автобуста турып, ҳәтте, үгит-нәсият жыйыны ўақтында да ишинен дуўа етиўи мүмкин. 3. Сабырлылық ҳәм қайтпаслық Жәмәәт және бир сабақты өзлестирип алыўы тийис. Бул — сабырлылық пенен дуўа етиў болып табылады. Қудай бизлердиң мүтәжликлеримизди «өз ўақтында» қандырады (Галат. 6:9 ға қараң). Масихыйлар сораўға шаршап, тез-тез жеңилип қалады. Исениўшилер өзлериниң бундай изге қайтыўын былай түсиндиреди: Қудай бизлердиң дуўаларымызға жуўап бермей атырған екен, демек, бизиң сорап атырған нәрсемиз Оның еркине сай келмейди. Есте тутыңлар, Қудай бизиң дуўаларымызға жуўап бергенде: • Оның аты менен не сорасақ та, бизге ҳәммесин береди; • Сораған нәрсемизди Өз ўақтында орынланыў ушын оны ўақытша соңына қалдырады (тек Ол ғана ҳәммесин бастан аяғына дейин көрип биле алады); • бизге «яқ» деп жуўап берип, бир нәрсени бермейди. Себеби бизлер өзлеримизге керекли нәрсени сорамаймыз; • басқа, ең жақсы жуўапты береди. Ийса бизлерди дуўа еткенде қайтпаслық пенен сораўға шақырған еди (Лука 11:5–8 ге қараң). Бул Қудай бизиң мүтәжликлеримизди қандырыўды қәлемейтуғынын ҳәм биз Оны өз тилегимизди орынлаўға көндириўге тырысатуғынымызды билдирмейди. Керисинше, бул тек Қудай ғана аўҳалды толық түсинетуғыны ҳәм оған қашан ҳәм қалай жуўап беретуғынын билетуғынын аңлатады. Бизиң жүрегимизде Ийемизден келген исеним болса ғана қандай да бир аўҳал ушын дуўа етиўди тоқтатыўымыз мүмкин. Келиңлер, Самуел менен биргеликте былай дейик: «Маған келсек, сизлер ушын Жаратқан Ийеге жалбарыныўдан ўаз кешиў арқалы, Оған қарсы гүна ислеўден аўлақ болғайман!» (Пат. туўр. 1-к. 12:23). Масихыйлар дуўа етиўде жийи-жийи руўхый түскинликке бериледи. Себеби Қудайдың оларға жуўап бергенин түсинбейди. Гейде бул олардың дуўаларының анық емес екенлиги ямаса олардың мүтәжликлерине тек Қудай ғана жуўап бериўи кереклигин билмегени себепли болады. Мүмкин, олар аўҳалды анық ҳәм көзге көринетуғын кәрамат шешеди деп ойласа керек. Бирақ Ийемиз аўҳалды сондай қылып өзгертеди, сонда мүтәжлик өз-өзинен, тәбийғый түрде жоқ болады. Жетик исениўшилер күнделикли өмирдеги барлық ўақыялар ҳәм жағдайлар Қудайдың ерки менен болатуғынын түсиниўи тийис. Бул тәшиўишли ҳәм қәўипли дүньяда бизиң күнделикли нанымыз ҳәм қәўипсизлигимиздиң өзи — Қудайдың кәраматы болып табылады. Келиңлер, бизиң мүтәжликлеримизге қалай жуўап бериў кереклигин Қудайға үйретпейик. Керисинше, ҳәр күни бизлерге ғамхорлық көрсетип атырғаны ушын Оған миннетдаршылық билдирейик. Ески дана сөзлерге қулақ түриңлер: «Қудай Өз таңлаўына исенген адамларға ең жақсысын береди». 4. Бир мақсетте етилген дуўа ҳәм қарым-қатнас дуўасы Дүнья жүзинде ең көп топарларға ийе болған жәмәәттиң шопаны, ҳәзирет доктор Чо дуўа етиўдиң үлкен әҳмийети ҳаққында көп айтады. Ол Кореядағы өсип баратырған жәмәәттиң шопаны бола тура, күнине ең кеминде бес саат дуўа етиў шәрт деп есаплайды. Ол дуўа етиўди еки түрге бөледи. Олар: анық мақсет пенен етилген дуўа ҳәм қарым-қатнас дуўасы. Еки түр де әҳмийетли, бирақ мақсет пенен етилген дуўа аўыр мийнеттен ибарат болып, ол көп күш жумсаўды талап етеди. Бул күшли дуўа етиў тәўеллешилик дуўасына жақын болып, әдетте зәрүр мүтәжликлерге дыққат аўдарылады (Яқып 5:16 ға қараң). Анық мақсет пенен етилген дуўаның избе-излиги төмендегише: • анық мақсет қойып, оған дыққат қаратың; • әпиўайы сөзлерди қолланың; • өз жүрегиңиздиң барлық сезим ҳәм күшлерин иске салың; • қайтпас болың (Лука 18:1–8 ге қараң). Қытайдағы исениўшилер дуўа еткенде, дуўа етиўдиң усы түрин қолланады.Төменде бир Қудайға хызмет етиў жыйналысы сүўретленип, ол ушын исениўшилер жерден он еки ярым метрдей пәс болған үңгирге жыйналған еди. Үш саат даўам еткен ўаздан соң, олар көзлерине жас алып, дуўа ете баслады. Олардың көз жаслары жүзлерин жуўса да, олар буған итибар аўдарған жоқ. Олардың жүреклери Масихқа соншелли толық қаратылған болып, олар өзлериниң көтериңки жағдайын еске алмады. Бир ҳаял туўысқанымыз қырқ бес минут даўамында дуўа етип, Ийемизден өзиниң қалыңлығы болған исениўши жигитти қамақтан азат етиўди өтинди. Жыйналысқа дейин, ол көп күнлер даўамында ораза тутып, өз жәмәәтиниң Хош Хабар тарқатыў бойынша искерлиги ҳаққында ҳүкиметке мағлыўмат бериўден бас тартқан еди. 5. Душпан жағдайда Қарама-қарсылық жағдайына түсип қалған жәмәәт дуўа етиўге көп ўақыт ажыратыўы тийис. Исениўшилер дуўа етиў жыйналысын тек ҳәптесине бир рет өткизетуғын болса, үлкен қәтеге жол қояды. Бундай жыйналыста адамлар өзлериниң мүтәжликлерин айтып, дуўаларына алған жуўаплары ушын қуўаныўы ҳәм биргеликте дуўа етиўи мүмкин. Егер ҳәр бир жыйналыста исениўшилер масихыйдың өмиринде айрықша әҳмийетли болған нәрсеге көбирек ўақтын ажырата алса, жүдә жақсы болған болар еди. Ҳәтте, масихыйлардың рәсмий емес ушырасыўларын биргеликте дуўа етиў ушын туўылған мүмкиншилик деп санаў керек. Егер жәмәәт кишкене топарлар ушын ҳәр ҳәптеде дуўа етиў жыйналысын өткизиўди ҳәм ҳәр бир исениўшини ҳәр күни дуўа етиўге шақырыўды өз ис жобасына киргизсе, дана ис қылған болады. Еркин еллердеги базы жәмәәтлер исениўшилерди ҳәпте арасында улыўма жәмәәттиң бир дуўа етиў жыйналысына емес, ал кишкене топар болып, үйлерде бир неше дуўа етиў жыйналысын өткизиў ушын жыйнайды. Нәтийжеде жәмәәттиң әпиўайы ағзалары жетекшилик ўазыйпаларын орынлап, исениўшилердиң жеке қатнасыўының дәрежеси өсип барады, ал жас масихыйлар жәмәәттиң имартының тысында өткизилген жыйналыста да Ийемиздиң қатнасатуғынын түсинип жете баслайды. Географиялық аймақларға бағдарланған үйлердеги дуўа етиў топарларына қосымша қылып, жәмәәт усы топарлар ишинде де дуўа етиў ушырасыўларын шөлкемлестириўи мүмкин. Мысалы: үй бийкелери, фермерлер, талабалар, жумысшылар ҳәм т. б. ушын. Егер қуўдалаўлар ўақтында, жергиликли жәмәәт соққы астында қалса, онда исениўшилер усындай дуўа етиўдиң ҳәр қыйлы жолларын үйренип, дуўа етиўди тоқтатпайды. Ҳәтте, егер масихыйлар тарқап кетсе де, олар дуўа етиў ушын мүтәжликлери ҳәм дуўаларына алған жуўаплары менен почта арқалы бөлисе алады. Бул тақырыпқа хат жазыў аңсат ҳәм олар ҳүкиметтиң дыққатын аўдармайды. Деген менен, тийкарғы руўхый күш — бул масихый хожалықтың дуўа етиўи болып табылады. Егер шайтан жергиликли исениўшилер жәмәәтин тарқатыў арқалы ўақытша жеңиске ерискен болса, хожалық жедел түрде иркинишсиз дуўа ете алады. Қамаққа түскен ямаса сүргинге жиберилген айырым масихыйлар өзлериниң күшиниң баслы тийкары дуўа етиў екенлигине ис жүзинде исеними кәмил болды. Усындай қыйыншылық көрген исениўшилер ямаса азап шеккенлердиң тәсирлендириўши тәжирийбеси ҳаққында гүўалықлар сөз етилген көп китаплар жазылған. Дуўа етиў — ҳәр бир масихыйдың руўхый тәжирийбеси, оның жоқары ҳәм ең күшли руўхый тәжирийбеси. Пайда келтириўши дуўа уллы сабақ болып, оны ҳәр бир масихый өзлестире алыўы сөзсиз. 6. Бизди қуўдалайтуғынлар ушын дуўа етиў Қуўдаланып атырған жәмәәт өзлестириўи тийис болған уллы сабақлардың бири — бул олардың өзлерин қуўдалап атырғанлар ушын дуўа етиўи болып табылады. Бул қағыйда өз душпаныңды сүйиў менен бирдей. Қудайдың бундай дуўа етиўди ҳүрмет ететуғыны туўралы көп мысалларды келтириўге болады. Носки бурын Филиппинниң қубла бөлегинде иймам болған еди. Ол садық мусылман болып, кишкене қәўимниң ҳүрметин қазанған еди. Бир күни ол балықшылық экспедициясынан қайтып келип, өзиниң еки қызының масихый болғанын билди. Ол қызларының өзин қәўим алдында қандай масқара қылғанын жүдә жақсы түсинди. Носки қатты ашыўланып, қызларын қатты сабап таслады ҳәм олардың жаңа исенимнен ўаз кешетуғынынан үмит етти. Бирақ қызлары өз исенимлерине садық қалды. Олар әкесин жақсы көрди ҳәм Қудай ушын мүмкин емес нәрсениң жоқ екенлигин билгенликтен, әкесиниң исенимге келиўи ушын дуўа ете баслады. Арадан бир қанша ўақыт өткеннен соң, балық тутатуғын қайығының ишинде жумыс ислеп турып, Носки асқазанында қатты шаншыўды сезди. Аўырыў күшейип бара берди ҳәм оның қарны шар сыяқлы исип кетти. Носки қатты аўырыўдан буратылып қалды. Ол дуўа етти, бирақ бул ҳеш қандай жәрдем бермеди. Носки не қыларын билмей, өз қызларының Қудайына, Ийса Масихқа жалбарынды ҳәм сонда дәрриў шыпа тапты. Усы ўақыядан соң, Носки жаңа адамға айланды. Ол өз жүрегин Ийсаға бағышлады ҳәм Оны Ийем деп тән алды. Ҳәзирги күнде ол Ийемизге дүньяға тийисли адамлардың жетекшиси сыпатында садық хызмет етпекте, ал қызлары оның хызметине жәрдем береди. ОРАЗА Ораза — күшли дуўа етиў менен бирге жүретуғын әҳмийетли руўхый тараў. Келиңлер, бул тақырыпты жийи-жийи қойылатуғын сораўларға берилген жуўаплар жәрдеминде изертлеп шығайық 1. Ораза тутыў ҳәм дуўа етиў дегенимиз не? Ораза тутыў — бул Қудайды биринши орынға қойыў дегенди аңлатады. Ораза — бул жүрек әмири болып, биз белгили бир машқала ямаса ўақыя ушын дуўа етиў мақсетинде үйреншикли өмирди тоқтатамыз. Қудайға дыққат аўдарып, руўхый мәселелерге еле де сезимтал болыўымыз ушын, ол өзимизди аўқаттан тыйыў, ал гейбир жағдайларда өзимизди суўдан да тыйыўды аңлатады. Ораза — бул және де, я «аўа», я «яқ» деген, я болмаса басқа жуўап алмағанша, қайтпаслық пенен дуўа етиў болып табылады. 2. Ораза Мухаддес Китапқа сай түсиник пе? Келиңлер, келеси нәрселер ҳаққында пикир жүргизип көрейик: • Муўса қырқ күнлеп еки рет ораза тутты (Шығ. 34:28 ге қараң); • Даниел (жеке ораза) жигирма бир күн даўамында ораза тутты (Дан. 10:3 ке қараң); • Йоел исениўшилерди ораза күнин белгилеўге шақырды (Йоел 1:14; 2:12 ге қараң); • Эзра ораза тутқан ҳәм жылаған ўақтында аўлақ жерге кететуғын болған (Эзра 10:6 ға қараң); • Илияс қырқ күн даўамында ораза тутты (Пат. туўр. 3-к. 19:8 ге қараң); • Антиохиядағы жәмәәт жетекшилери ораза тутты (Ел. исл. 13:2–3 ке қараң); • Ийса қырқ күн даўамында ораза тутты (Лука 4:2 ге қараң); • Павел ҳәм Барнаба ораза тутты (Ел. исл. 14:23; 27:33 ке қараң). Негизинде, ораза — бул бизиң жүрегимизди Қудайға тапсырыўымыз, өз гүналарымызды мойынлаўымыз ҳәм және Ийемизге қараўымызды аңлатады (Йоел 2:12–13 ке қараң). Матта жазған Хош Хабарда (6:16–18) Ийса Өз шәкиртлерине ораза ўақтында не ислеў кереклигин үйретеди. Оның Өз шәкиртлерин ҳеш қашан да ораза тутыўға шақырмағанын атап өтиў қызықлы. Өйткени Ол исениўшилердиң ораза тутыўын шәртли деп есаплады. 3. Оразаның ҳәр қыйлы түрлери бар ма? Бириншиден, әпиўайы ораза болып, қандай да белгили ўақыт ишинде сиз аўқат ишпей, тек суў ишип жүресиз (ең көп дегенде қырқ күнге дейин). Екиншиден, толық ораза болып, сиз белгили ўақыт ишинде улыўма суў да ишпейсиз ҳәм ҳеш қандай аўқат та жемейсиз (әдетте үш күннен артық емес). Оразаның үшинши түри — бул ярым ораза болып, онда сиз белгили ўақыт даўамында қандай да бир азық-аўқаттан өзиңизди тыйып турасыз. Мысалы: мазалы нәрседен яки аўқатты аз жеп, суўды аз ишесиз. Жеке ораза ўақтында, биреў тек нан жеп, тек суў ишиўди шешиўи мүмкин. 4. Ораза тутыў ўақты бойынша кеңеслер Ораза тутыўды баслаўдан бурын, шыпакер пенен мәсләҳәтлесип алың. Жүреги кесел адамлар ямаса қант диабети бар адамлар ораза тутпағаны мақул. Организмиңиздиң өз ўақтында ҳәм жеткиликли түрде қалдықлардан азат болыўын қадағалап барың. Әпиўайы ораза ўақтында, адамлар ҳәр қыйлы ишимликлер ишеди. Сиз жүрегиңиз нени буйырса, соны ислең. Ораза ўақтында көбирек суў ишиң (химиялық қосымталарға ийе суўды ишпеўге ҳәрекет етиң. Мысалы: хлор яки фторы бар). Әдетте оразаның биринши үш күни ең қыйын болып табылады. Суў ишпей, үш күннен артық ораза тутпаң. Егер сизиң оразаңыз узақ ўақыт даўам ететуғын болса, онда сизиң менен бирге басқа исениўшилер де ораза тутса, анағурлым жеңилирек болады. Егер әдеттеги сабақлар, жумыс ямаса оқыў ўақтында ораза тутатуғын болсаңыз, онда түски аўқат жеў ўақтын дуўа етиўге бағышлаң. Мүмкиншилиги болғанынша, көбирек дуўа етиўге тырысың. ОРАЗА ТУТЫЎ ҲӘМ ДУЎА ЕТИЎ КҮНИ Төменде ораза тутыў ҳәм дуўа етиў күнин қалай жобаластырыў кереклиги бойынша, базы жол-жорықлар берилген. Өзиңизди ҳәм өз топарыңыздың ағзаларын қоллап-қуўатлаў ушын олардан пайдаланың. 1. Баста бир аўқатты жемеўден баслаўыңызға болады. Мысалы: азанғы, түски яки кешки аўқатты жемесеңиз болады. Егер ярым күн даўамында аўқатсыз шыдай алатуғын болсаңыз, келеси рет буны көбейтип барыўға болады. 2. Дәптер, Мухаддес Китап, ручка ҳәм егер қәлесеңиз, жақсы руўхый китап алың. Телефонсыз, тыныш, ҳеш ким тынышыңызды алмайтуғын орын таўып алың. Аўлақ жерде дуўа етиўге қанша ўақыт ажырататуғыныңызды алдын ала шешип алың ҳәм бул шешимди орынлаўға тырысың. 3. Ийемизди алғыслаўдан ҳәм Оған сыйыныўдан баслаң, ал кейин Оның дәргайында тынышлыққа ерисиң. 4. Егер сизиң ақыл-ойыңыз алағада болса, қандай ислерди ислеўиңиз кереклиги бойынша ойлаўды даўам етип атырған болсаңыз, онда өз жобаларыңызды бир бет қағазға жазып қойың. Бул сизге ислерге кеўил бөлмей, руўхый мәселелерге дыққат аўдарыўға жәрдем береди. 5. Мухаддес Китаптағы китаплардан биреўин таңлап алып, оны бастан баслап оқың. Асықпаң. Аятларды избе-изликте оқып барың. Ийемизден белгили бир аят арқалы өзиңизге нелерди үйретиўди қәлейтуғынын сораң. Ол ушын дуўа етиң. Даўам етип, келеси аятқа өтиң. Өз дәптериңизге Ийемиздиң өзиңизге не айтқанының бәрин жазып барың. 6. Мухаддес Китап бойынша бир саат даўамында сабақ өткениңизден соң, енди дуўа етиўге кириссеңиз болады. Исти тәўбе етиўден баслаң. Анық жеке мүтәжликлер ҳәм хожалық мүтәжликлери ямаса хызметтеги мүтәжликлер туўралы айтың. Кейин басқа адамлар ушын сораныўды баслаң. Асықпаў жүдә әҳмийетли. Баслысы — бул Ийемиз бенен қарым-қатнас қылыў. 7. Айрықша әҳмийетли ҳәм қыстаўлы ислер ушын дуўа етиўге арнаўлы ўақыт ажыратың ҳәм ол бойынша Қудайдың басқарыўын излең. 8. Мухаддес Китапты үйрениң ҳәм бир қәлиптеги сабақтан шаршап қалмаў ушын гезек пенен дуўа етиң. Руўхый китаптан бир неше бап оқысаңыз да болады. 9. Егер қандай да бир ҳәлсизликти сезсеңиз, аз-маз уйықлап алсаңыз болады. Күн ақырында, сиз өзиңизди сергек ҳәм тетик сезесиз. Сонда және жумысқа кириссеңиз болады. 10. Егер мүмкиншилиги болса, күн даўамында ўақты-ўақты жақсы ҳәм тетиклик бериўши масихый музыканы тыңласаңыз болады. Биз жаңа ғана айтып өткен бир күнлик оразадан тысқары, көп масихыйлар үш күнлик, жети күнлик ҳәм қырқ күнлик ораза тутады. Жуўмақлап айтқанда: Ол орынлаў ушын күш сорады, Бирақ шыдам ушын ҳәлсизлик алды, Ол уллы ислер ушын ден саўлық сорады, Бирақ уллы тақырыплар ушын күшсизлик алды, Ол адамларды жеңиў ушын бийлик сорады, Бирақ Қудайды излеў ушын ҳалдан тайыўды алды. Ол ғам-қайғы болмаўы ушын байлық сорады, Бирақ даналыққа ерисиў ушын кәмбағаллық алды. Ол өмирге қуўаныў ушын, ҳәмме нәрсени сорады, Бирақ ҳәмме нәрсеге қуўаныў ушын өмир алды. Ол өзи сораған ҳеш нәрсени ала алмады. Бирақ өзи үмит еткеннен де артық алды. Ол өз дуўасына жуўап алды! Ол — жарылқанған адам! Топардағы сабақлар Роллерге бөлинип, сабақ өткизиў: Сиз — қарым-қатнас топарының жетекшисисиз ҳәм сиз ораза тутыў ҳәм дуўа етиў күнин жобаластырып атырсыз. Сизге ҳәм сизиң топарыңызға ең туўры келетуғын ҳәр түрли жолларды талқылаң ҳәм жобаластырың. Биргеликте дуўа етиў ушырасыўын жобаластырың. Онда жоқарыда айтып өтилген барлық жол-жорықларды иске асырыўға болады. Белгили бир мүтәжликлер ушын дуўа етиў ўақтында, Мухаддес Руўхтың сыйлары көринеди. Талқылаў ушын сораўлар: 1. Не себептен бизиң еткен дуўаларымыз пайдасыз болып қалыўы мүмкин? 2. «Тынбай дуўа етиңлер» (Салоника. 1-х. 5:17) деп буйырғанда, Павел нени нәзерде тутқан еди? Бул мүмкин бе? 3. Қандай мүтәжликлер ушын дуўа етиў кереклигин жазып барыў бизиң исенимимизди қалай беккемлей алады? 4. Қудай сизиң дуўаларыңызға жуўап берген жағдайлар болды ма? Олар туўралы айтып бериң. 5. Етилген дуўаға жуўап болмағанына яки бизлер күтпеген жуўаплар болғанына қандай қатнаста болыў керек? V БӨЛИМ Таярлық Он алтыншы бап Ҳақлықта өсип барыў Жарысқа қатнасатуғынлардың ҳәммеси өзлерин барлық нәрседен тыяды. Олар буны өткинши тажды алыў ушын ислейди. Ал бизлер мәңгилик тажды алыў ушын ҳәрекет етемиз. Коринфлилерге 1-хат 9:25 Жас румын исениўшини полицияның жасырын бөлимине тергеў мақсетинде шақыртты. Ол усы сәттен соншелли қорққан еди! Оны жүрегин суўлататуғын қорқыныш бийлеп алды ҳәм ол исенимдеги туўысқанларды сатып бериў усынысынан пүткиллей ўаз кеше алмады. Себеби оған қәўипсизлик ўәде етилген еди. Бирақ ол бул усынысқа келисим бермеди ҳәм өзинде болған екилениў себепли азапланып, қыйналмақта еди. Сол күни түнде, ол қорқыныш ҳәм айып сезими себепли уйықлай алмады. Келеси күни азанда Мухаддес Руўхтың басқарыўында оның хожалығына бир жетик масихый келди. Масихтағы бул жетилискен туўысқан жас жигиттеги екилениў туўралы ҳеш нәрсе билмейтуғын еди. Алдын ол исеними ушын қамақта отырғанлықтан, жас жигит ушын жағдайға сай Мухаддес Китаптан аят таба алды. Ол жигитти қарым-қатнаста қоллап-қуўатлап, исенимниң қыйын сынағына таярлады. Ертеңине-ақ, жас жигитти және тергеўге шақырғанда, сол қыйын сынақ жетип келди. Деген менен, ҳәммеси тәкирарланды, жас жигит өзинде және күшли түңилиўди сезди. Тағы жасы үлкен исениўши оған жәрдем бериў ҳәм жигерлендириў ушын келди. Арадан және үш күн өтти ҳәм жас жигит ҳәр күни тергеўге шақырылып турды. Ақырында, жас исениўши полицияның усынысынан пүткиллей ўаз кеше алды. Полицияның оған деген ҳеш қандай даўы болмағанлықтан, оны босатып жиберди. Дана кеңеслер, дуўа етиў ҳәм шыдамлылық пенен ғамхорлық көрсетиў оған сынақты жеңиўге ҳәм ҳақлықта өсиўге жәрдем берди. КИРИСИЎ «Таярлаў» яки «таярлап қойыў» фейиллери менен билдирилген түсиникти бир неше усыллар менен түсиндириўге болады: • шынықтырыў, тәжирийбелик курс өткизиў; • белгили ис яки мақсет ушын жарамлы қылыў; • баланы өсириў ҳәм (ямаса) тәрбиялаў; • басқа адамларға бойсынғыш қылыў ушын тәлим бериў, үйретиў. Батыс еллеринде таярлық көбинесе белгили мағлыўматқа ямаса билимге ийе болыў сыпатында баҳаланады. «Таярлық» шегарасындағы тәрбиялаў мәселеси дерлик жоқ. Ал Мухаддес Жазыўда бул түсиник оған жақын болған «нәсият» яки «үйретиў» сыяқлы, тек билим бериўди емес, ал тәрбиялаўдың қарама-қарсы барысын нәзерде тутады. Бул пикир төмендеги үзиндилер сыяқлы, Сулайманның ҳикметлери китабында көп мәртебе тастыйықланады: • ҳақыйқатлық бойынша тәрбиялаў (Тимоф. 2-х. 3:16); • Қудайдың қутқаратуғын мийрими пүткил адамларға ашық көринди. Ол бизлерди … үйретеди» (Титус 2:11–12); • Себеби Ол сүйген адамын жазалайды (яғный, тәрбиялайды)…» (Евр. 12:6). Римлилерге жазылған хатта елши Павел қуўдалаўлар менен қуўғынлардың адамды таярлаўда әҳмийетли тийкар екенин тастыйықлайды: «Бизлер тек бул себепли емес, ал қыйыншылықлар себепли де қуўанамыз. Себеби қыйыншылықлардан сабырлылық, сабырлылықтан жақсы минез-қулық, жақсы минез-қулықтан үмит пайда болатуғынын билемиз. Сол үмит бизлерди уятқа қалдырмайды. Өйткени Қудай бизлерге берген Мухаддес Руўхы арқалы жүреклеримизди Өз сүйиспеншилигине толтырды» (Рим. 5:3–5). Мухаддес Китаптың бир тутаслығын сақлап қалыў ушын, таярлық түсинигин бизлер ушын алдын ала белгиленген ҳәм таярланған ҳақлық курсы сыпатында қарап шығайық. Онда ҳәр бир адам Қудайдың бағдарлаўына қулақ салыў ҳәм душпанның қаслықларына төтепки бере алыў ушын тәрбия дәўирин басып өтеди. Армияға шақырылған яки әскерий хызметке түскен адамлар ямаса өзлерин қандай да бир иске өз ықтыяры менен бағышлағанлар таңланған жумыс ушын өзлерин таярлаўды күтиўге ҳақылы. Айырым қәсиплерде бундай таярлық «шәкиртлик» деп аталады. Медицинада бул «интернатура», ал әскерий исте улыўма таярлық болып табылады. Мухаддес Китапта да биз шәкиртлик ҳаққында оқыймыз. Деген менен, бизиң заманымызда исениўшилердиң таярлық дәўири ўақыт жоқлығы себепли яки қойылған мәселениң әҳмийетин толық түсинбегенликтен, жийи-жийи бийкар етиледи. Бундай қатнас Ийсаның Өз шәкиртлерин таңлаўына ҳәм оларды таярлаўға қандай қатнаста болғанына қайшы келеди. Ийса Өз шәкиртлерин Өзи менен бирге болыўға шақырғанда, «адам аўлаўшылар» болыўы ушын оларды Өзине ериў ушын бағышлаўға шақырды. Кейин Ийса оларды усы хызметке таярлай баслады. «АЙЛАНЫЎ» ДЫ ҚӘЛЕЎ НӘТИЙЖЕСИНДЕ «БОЛЫЎ» КЕЛЕДИ Қудайдың ҳақлық Патшалығында хызметтеги әскер болыў ушын адам дәслеп хызметтеги әскер болыўы тийис! Хызметтеги әскерди таярлаўдағы мақсет — оның хызметтеги әскер болып тиклениўи болып табылады ҳәм таярланыў арқалы оның Ийса Масихтың ықтыярлы түрде шәкирти болыў әҳмийети тастыйықланады. Таярлықсыз бағышланыў я түңилиўге, я қанаатланбаўшылық сезимине алып келеди. Қалай хызметши болыў ҳәм әскер сыпатында Қудай Патшалығында өзимизди қалай услап тутыў кереклигин анықлаў ушын, биз Матта жазған Хош Хабардағы Таўдағы ўазда айтылған бахытлылық буйрықларына қараўымыз тийис (5:3–12). Бул буйрықлар мусылман еллериндеги масихыйлар ушын айрықша әҳмийетке ийе. Олар күшли шеклеўлер ҳәм жоқшылықлар жағдайында жасайды, оларға екинши сорт адамларына қарағандай қарайды, олардың үстинен күледи, оларды жек көреди. Олар тез-тез қорқынышта болып, жийи-жийи қуўдалаўларға ушырайды. Олар ушын бул буйрықларда, бир күни басқа жерде, яғный ҳәммеси өз орнына қойылатуғын жерде болатуғыны бойынша жигер ҳәм үмит бериўши сөзлер бар. Еркинлик көп болған ҳәм өмир онша қыйын болмаған Малайзия ҳәм Индонезия сыяқлы еллерде де қуўдалаўлар болып турады. Ал Пакистан сыяқлы басқа еллерде, масихыйлар көплеген адам ҳуқықларынан айырылған. Сауд Арабстанында, Мысырда, Иранда, Суданда, Нигерияда ҳәм Мароккода аўҳал шама менен усындай, бирақ масихыйлардың азаплары ҳәр түрли болыўы мүмкин. Олардың ҳәммеси ушын Ийса Өз хабарын усынады. Бахытлылықтың сегиз буйрығының ҳәммеси еки тәбиятқа ийе екенин есте сақлаў әҳмийетли. Яғный, олар «билимди» билдиреди, ал усы билимниң нәтийжеси «ислеў» болып табылады. Ийсаның буйрықлары есте сақлаў ҳәм оларды пикирлеп билиў керек болған филисофиалық тастыйықлаўлар. ХЫЗМЕТШИНИҢ МИНЕЗ-ҚУЛҚЫ Бахытлылықтың биринши төрт буйрығы Ийемизге хызмет етиўге таяр болған исениўшиниң жүрегиниң раўажланыўына тийкарғы итибарды қаратады. Оларды Ийемиз Ийса Масихтың тил алғыш хызметшисиниң тиклениўине алып барыўшы төрт избе-из басқышлар сыпатында қарап шықсақ болады. Ҳақлыққа мүтәж болғанлар Кишипейиллилер Қайғырып жүргенлер Руўхый жарлы болғанлар 1. Руўхый жарлы болғанлар Руўхый жарлы болғанлар бахытлы! Аспан Патшалығы олардики (Матта 5:3). Руўхый жарлы болғанлар өзлериниң руўхый жарлылығын тән алады. Бул адам өмирин еплеўге өз күшиниң, тийкар ҳәм мүмкиншиликлердиң улыўма жоқ екенлигин түсингенде жүз береди. Усындай адам Қудайдан күш алады ҳәм бундай қарым-қатнас оған усы дүньяның байлығына байланып қалыўдан азат болыўға, Қудайға ҳәм аспанға сүйениўге жәрдем береди. «Тиленши» сөзи хорлықлы ҳәм пүткиллей кәмбағаллықты билдиреди. Бундай жарлылық ҳәлсизленип, дизе бүгеди. Усыған байланыслы, бахытлылықты төмендегише түсиндириўге болады: «Өзиниң толық ҳәлсизлигин ҳәм ҳеш нәрсеге жарамсыз екенлигин түсинип, Қудайға исенген адам бахытлы. Бундай адам Қудайдың еркин қабыл етип, сол тәризде Оның Патшалығының пуқарасы болады». Пакистан сыяқлы еллердеги масихыйлар бул буйрықты уллы жубаныш деп есаплайды. Өйткени олардың көпшилик бөлеги — көшелерди сыпырыўшылар ҳәм басқалар ислеўден бас тартатуғын қара мийнет ислеўшилер болып табылады. Олар жақсы жумыс таба алмайды. Олардың балалары жоқары мағлыўмат ала алмайды ҳәм сонлықтан балалар өз ата-анасының тәғдирин қайталайды, жақсы жасаўдан үмитсиз болып, толық жарлылықты жасайды. Бул хат биринши гезекте оларға қаратылған. Олар Қудайға толық исенсе, өзлериниң аспандағы пуқаралығына деген исенимине ериседи. Азиялы бир масихый ҳаялды қолға алып, қамаққа салған еди. Ийемиздиң басқарыўында, ол өз қәлеўи менен аўыр жумыс ислеўге қайылшылық берип, қамақтың жүдә патас ҳәм сасық ҳәжетханаларын тазалай баслады. Бирақ бул хорлықлы жумыс оған қосық айтып, қамақтағыларға Ийса ҳаққында айтып бериўге мүмкиншилик жаратты. Оның сөзлери ҳәм ислери арқалы қамақтағылардың көбиси Ийемизге келди. 2. Қайғырып жүргенлер Қайғырып жүргенлер бахытлы! Олар жубаныш табады (Матта 5:4). Жылаў — бул өз жағдайымыз себепли терең қайғырып, өзимиздиң ылайықсыз екенимизди түсинип, барлық ийгиликлер тийкары сыпатында Ийемизге исенип баслаўымыз, Оның дәргайына, күшине ҳәм басқараўына умтылыўымыз болып табылады. Әкениң мийрим-шәпәәти бул умтылыўды сыйлықлайды. Бундай қайғырыў ҳәм бундай қайғыны жасырыў мүмкин емес. Олар бул дүньяда ҳүкимдарлық етиўши азап ҳәм қайғы себепли пайда болады. Басқа адамлардың азапларын, қайғысын ҳәм мүтәжликлерин жеңиллетиўге умтылатуғын адам бахытлы. Бул буйрықты биз былайынша түсиндириўимизге болады: «Дүнья азапларын көрип, жүреги сырқырайтуғын ҳәм өзиниң гүнакар ҳәм ылайық емес жағдайына терең қайғыратуғын адам бахытлы. Себеби ол Қудайдан қуўаныш ҳәм жубаныш алады». Бул бойынша пикирлей отырып, жәмәәт ҳәм барлық масихыйлардың қайғылы жағдайын түсине баслаймыз. Көплеген еллерде жәмәәтлер ҳәлсиз болып, олардың айырымларының тек аты ғана жәмәәт болып табылады. Оларда алаўызлық болып, бөлинип бармақта. Бундай жәмәәтлер ушын жылаў керек. Тағы да, гүрести тоқтатып, басқа тәрепке өткен исениўшилер ушын да жылаў керек. Ўазлардың мазмуны жоқлығы, дуўа етиўлердиң ҳәм руўхый күштиң азлығы ушын жылаң. Жәмәәтке келип, тек жаўық қапылар менен суўық жүреклерди көргенлер ушын жылаң. Өзлерин қоршаған дүньяға Масихтың нурын көрсетиўди қәлемейтуғын масихыйлар ушын жылаң. Жақтылықтан қорққанлықтан, өз нурын жасыратуғын жәмәәт ушын жылаң. Аўа, бизлердиң жылайтуғын себеплеримиз көп. Өйткени биз егер жыласақ, жубаныш алатуғынымыз ўәде етилген. 3. Кишипейиллилер Кишипейиллилер бахытлы! Олар жер жүзине ийелик етеди (Матта 5:5). Кишипейиллиликти ҳәлсизлик пенен алжастырмаў керек. Кишипейиллилик «күш қадағалаў астында» дегенди нәзерде тутады. Бул контекстте тәўбе етиўши ҳәм дуўа етиўши адам өзинде бәрқулла болған Мухаддес Руўхтың басқарыўы ҳәм исениўшиге, ҳәтте, қолайсыз, келиспеўшилик жағдайларында ўәде етилген мийрас пенен жарылқанған. Усы ҳақыйқатты түсинип жеткен, өз қәлеўлерин, сезимлерин ҳәм ислерин Мухаддес Руўхтың басқарыўына бойсындырған адамлар уллы болғанын тарийх көрсетеди (Санлар 12:3 ке қараң). Сулайманның ҳикметлери китабында (16:32) былай делинген: «Сабырлы адам мәрт әскерден, өзин услай алатуғын адам қаланы басып алғаннан үстинирек». Солай етип: «Өзиниң ҳәр бир сезимин, ҳәр бир исин ҳәм ҳәр бир қәлеўин Қудайдың Руўхының басқарыўына бойсындырған адам бахытлы! Бундай адам Қудай, өзи ҳәм басқа адамлар алдында ҳақ болып, тек Қудай бере алатуғын өмирге қәдем атады». Қарама-қарсы пикирге ийе болған адамлар менен сәўбетке кирискениңизде, усындай кишипейиллик ушын дуўа етиңлер. ўақты келип, сизиң шыдамыңыз ҳәм өзиңизди қадағалай алыўыңыз қатал сынақтан өтеди. Және де, ўақты келип, Мухаддес Руўх сөйлесиўдеги бағдарды яки шебер жетекшиликли артқа шегиниўди өзгертиўди усыныс етеди. Бул бир қарағанда жеңилис болып көриниўи мүмкин. Кишипейил болыў — бул Мухаддес Руўх пенен биргеликте толық жеңиске ерисиў ушын, ўақытша артқа шегиниўге келисим бере алыў. 4. Ҳақлыққа мүтәж болғанлар Ҳақлыққа мүтәж болғанлар бахытлы! Қудай оларды толық қанаатландырады (Матта 5:6). Бул сыпат исенимниң жетиклигин билдирип, хызметшиниң хызметке таяр екенин көрсетеди. Шәкиртлик жуўмақланғанда ямаса таярлық толық болғанда, хызметтеги әскер қанаатланыўшылықты сезеди. Себеби Қудай оны Өзи шақырған, таярлаған ҳәм тәмийинлеген нәрседе қолланады. Әййемги заманларда адамлардың табысы ҳақыйқаттан да жүдә аз болған ҳәм адамлар тек хожалығының күн көриси ушын ғана ғәрежет ислеп таба алған. Суў да қымбат туратуғын нәрсе болған. Буйрықта тастыйықланыўша, пүтинликке, толық ҳақлыққа деген күшли қәлеў өмир ҳәм өлим мәселеси болып табылады. Ең күшли қәлеўлери Қудайға ҳәм басқа адамларға деген сүйиспеншилигине бағдарланған адам жарылқанған. Сол тәризде, «ашлықтан жүдеген адам аўқатқа умтылғаны ямаса шөлден қыйналған адам суў ишиўди қәлегени сыяқлы, толық ҳақлыққа умтылған адам бахытлы. Себеби бундай адам ҳақыйқый қанаатланыўға ериседи». Басқа диндеги адамларға өз динине тыянақлы қатнаста болған масихыйлар үлкен тәсир жасайды. Олар динди тек сыртқы көринис деп, яғный өз исенимин тек екшемби күнлери жәмәәтке барыў арқалы көрсететуғын адамларды ҳүрмет етпейди. Олар батыс масихыйлығында көретуғын көп нәрселер оларды терис қараўға мәжбүр етеди. Бул әдеп-икрамлық тазалыққа деген ҳүрметсизлик, гедонизм, көз қараслар менен орынлардың анық болмаўы, исеним ушын аз-маз болса да қыйналыўды, бир нәрселер ушын гүресиўди ҳәм бир нәрселерди қурбан етиўди қәлемеў болып табылады. Туўысқанымыз Андрей (brother Andrew) былай дейди: «Адамлардан жасырынатуғын жәмәәтти мусылман адам қалай ҳүрмет ете алады? Масихыйлар өз байрақларын былғаўы, өз исенимлери ушын азап шегиўге таярлығын көрсетиўи тийис. Минсиз ҳақлық адамларға күшли тәсирин жасайды ҳәм сонда биз жәриялаған Хош Хабар оларда ҳақыйқый ҳүрметти пайда етеди. ХЫЗМЕТШИНИҢ ЖҮРИС-ТУРЫСЫ Бахытлылықтың соңғы төрт буйрығы хызметтеги әскердиң сыртқы минез-қулқына байланыслы. Хызметтеги әскер болыў — демек ҳақлық ушын қуўдаланған жарастырыўшы пәк кеўилли мийрим-шәпәәтли 1. Мийрим-шәпәәтли Мийрим-шәпәәтлилер бахытлы! Олар мийрим-шәпәәт алады (Матта 5:7). Биз өз «руўхымыздың жарлы екенин» кишипейиллик пенен тән алсақ, Қудай Өзиниң мийрим-шәпәәти менен бизди кеширип, керекли ҳәмме нәрсе менен тәмийинлейди. Қудайдың мийрим-шәпәәтине ерисип, биз оны басқа адамларға көрсетиўимиз керек. Мухаддес Китаптағы бул қағыйда адамның өзин басқаның орнына қойыўы, ҳәммесине оның көзи менен қараўы ҳәм оның жүреги менен сезиўи тийис екенлигин нәзерде тутады. Ийса адам болып келип, әне усыны бизлер ушын иследи. Солай етип, «ҳәммесине басқа адамның көзи менен қараў ушын, оның жүреги менен сезе алыў ушын өзин басқаның орнына қоятуғын адам бахытлы. Сонда басқа адамлар оған сондай қатнаста болып, Қудайдың буны өзлери ушын Ийса Масих арқалы ислегенин биледи». Биз исенбейтуғын досларымызға қалай қараймыз? Мысалы: биз мусылманларға ай жерге нурын төккендей, зорға билинер-билинбес жақтысы бар қараңғылықта гезип, қармаланып жүрген ҳәм нурдың мәниси усы ярым қараңғылықтан ибарат деп ойлаўшы адамларға қарағандай қарай аласыз ба? Биз оларды усылай көргенимизде, бизиң қарым-қатнасымызды билдиретуғын ең дурыс сөз — бул «мийрим-шәпәәтлилик» болып табылады. Биз де оларға мийрим-шәпәәтлилик пенен қатнас жасай аламыз. Биз надурыс бағдарда баратырған соқырларға жәрдем беремиз. Сол сыяқлы, биз адасқанларға, бизлерди тыңлағысы келгенлерге мийрим-шәпәәт көрсетип, ҳақыйқый нурға қарай жол табыўымыз керек. Егер биз Масихтың ҳақлық Қуяшы екенине исенимли болсақ, онда бизге ҳеш нәрсени де дәлиллеп отырыўға ҳәжет жоқ. Бирақ биз шыдамлылық ҳәм мүләйим түрде мүтәж адамларға ҳақыйқат жолын көрсетиўимиз зәрүр. 2. Пәк кеўиллилер Пәк кеўиллилер бахытлы! Олар Қудайды көреди (Матта 5:8) Бизиң Қудайға жылаўымыз өзимиздиң Масихтағы жаңа өмирге қарай жаңаланып барыўымызды баслап береди. Сол сыяқлы, бизиң бул дүньяның ипласлықлары арасындағы пәк өмиримиз жарастырыў исиниң басламасы болыўы мүмкин. Бул бахытлылық буйрығы өзимизди толық қатал ҳәм ҳадал түрде изертлеўимизди талап етеди. Биз ҳәммесин пәк ойлар менен ислеўимиз керек. Бундай қатнас өзимиз ушын өлиўди талап етип, жүрек ишинде Масих өмириниң тийкарларын ашады. Солай етип, «ойлары пәк ҳәм ашық болған, таза жасаўшы адам бахытлы. Себеби ол Қудайдың Өзин көриўдей мүмкиншилик алады». Биз Қудайға пәклик пенен жақынласақ, Оны анығырақ көрип, Оны көбирек жақсы көремиз ҳәм Оған ериўде еле де беккемирек боламыз. Сонлықтан «ойлары толық пәк болған ҳәм өмириниң таза екени көринген адам бахытлы. Өйткени бундай адам Қудайды көре алады». Мусылманлар пәкликке көп әҳмийет қаратады. Олар кийимдеги сыпайылықты ҳәм жыныслар арасындағы тазалықты айрықша атап өтеди. Бул мәнисте масихыйлар оларға жүдә бийпәрўа болып көринеди. Расында-ақ, пәклик бизлерди тәшиўишке салмай ма? Яқ, ондай емес. Айырмашылық неден баслағанымызға байланыслы. Биреўлер пәклик адамда иштен көринеди деп есаплайды. Бирақ хызметтеги әскер ушын ҳәммеси керисинше болыўы керек. Яғный, ол иштен сыртқа қарай таза болыўы тийис. Сол тәризде, мусылманлар өзлерин пәк қылып сақлаўға умтылады. Биз масихыйлардың өзлеримиздиң әлле қашан тазаланғанымызды билетуғынымыз сыяқлы, олар да усы арқалы өзлериниң тазаланыўға мүтәж екенин түсинеди. Деген менен, биз бир қәўипти итибардан шетте қалдырыўға бейимлимиз. Биз жүдә бийғам болсақ, өзимизге ипласлық жабысып қалатуғынын умытамыз. Ҳәтте, «бар болып көринген ипласлыққа» деген де сақлықтың жоқ болыўы ҳәм усындай бийғамлыққа берилиў адамларды надурыс жуўмақларға алып келиўи ҳәм олардың тосқынлыққа ушыраўына себеп болыўы мүмкинлигин түсиниў әҳмийетли. Өзимиздиң пәк екенимизди айтыў жеткиликли емес. Адамлар бизиң пәклигимизди көриўи тийис. 3. Жарастырыўшы Жарастырыўшылар бахытлы! Олар Қудайдың балалары деп аталады. (Матта 5:9). Ҳәр қандай ақыл-ойдан зыят болған «тынышлық» ўәкиллери болыўымыз ушын, кишипейил руўхқа ийе болып турып, биз келиспеўшиликке тыныш ғана араласа аламыз. Жаңа Келисимдеги «тынышлық» сөзиниң бай мәниси ҳәмме нәрседеги ийгиликтиң минсиз ҳәм толық жағдайын билдиреди. Тағы да, бул сөз дурыс қарым-қатнасты, яғный бир-биримизге деген жақын қатнас ҳәм жақсы нийетти көрсетеди. Биз машқаладан қашып кетиўге тырыспай, ал оларға толық тынышлық пенен қарасақ, тынышлық келеди. Ҳәтте, қәўетерли аўҳалға да тынышлық сезимин ҳәм жағдайын киргизе аламыз. Солай етип, «өмирдиң барлық тараўларында бир-бири менен дурыс қарым-қатнаста болған жарастырыўшылар бахытлы. Себеби олар Қудайдың жобасын орынлайды». Ийсаның ислегениндей, бундай ислер адамлар арасындағы тосқынлықты бузыў ушын ҳәм адамлардың Қудай менен жарасыўы ушын өз өмиримизди қурбан етиўге алып келиўи мүмкин (Галат. 3:26–29). Басқа адамлардың Қудай менен жарасыўы ушын, сиз усындай төлем төлей алған болар ма едиңиз? Ҳәмме адамлардың Хош Хабарды еситиўге ҳәм исениўге ҳақылы екенин тастыйықлаўға таярсыз ба? Дүньяның келиспеўшиликке ийе аймақларының айырымларында масихыйлар бул исти жарастырыўшылық деп атайды. Израилда ҳәмме тынышлықты излейди, бирақ сол тынышлық тез-тез бузылады. Усы Израилдағы ер ҳәм ҳаял туўысқанларымыз Ийсаның ең әдеп-икрамлы тәлийматы «жаманлыққа жаманлық пенен жуўап бермеўимизди» (Петр, 1-х. 3:9; Рим. 12:17; Салоника. 1-х. 5:15) яки «жаманлыққа қарсылық көрсетпеўимизди» (Матта 5:39) талап ететуғынын еслетеди. Ийса Өз шәкиртлерин өзлерине деген әдалатсызлық ҳәм адамгершиликсиз қатнасқа керисинше жуўап бериўге шақырады. Ийса «ислегенин қайтар яки қашып кет» деген пикирге ийе адамларға тән болмаған айрықша жуўапты береди. Ийса «бетиңниң сол жағын» тутыўды үйреткенде, Ол жарастырыўшылықтың қорғаныў түрин емес, ал ҳүжим жасаў түрин нәзерде тутқан еди. Ол бул ушын сол заманның мәденияты ушын түсиникли болған мысалларды қолланды. Басқа адамның жағына урған адам жоқары дәрежеде турған адамның пәс турған адамның үстинен хорлықлы үстемлигин көрсетип, әдетте оны алақанының сыртқы тәрепи менен урған. Сонлықтан, бетиниң басқа жағын тутып, хорланған адам исти өз қолына алып, өзиниң адамзат әўладына тийисли екенин тастыйықлайды. Бетиниң басқа жағын тутқан адам өзин масқара болғандай қылып көрмейди. Ал оны масқара еткен адам усыны нәзерде тутса да, ол өзин қапа қылған адам менен тең ҳуқықлы деп санайды. Бул адам өз ара қатнасларды өзгертип, масқаралаўшыға әдеп-икрамлы таңлаў жасаў зәрүрлигин қояды. Яғный қапа қылыўшы адам зорлық жасаўды даўам етиўи керек пе яки тәўбе етиў ҳәм жарасыў менен жуўап бериўи керек пе, ол усылар бойынша таңлаў жасаўы тийис. Өзгертиўши басламаның және бир көриниси — бизлерден көйлегимизди алыўды қәлегенде, сыртқы кийимимизди де өз қәлеўимиз бенен шешип бериўден ибарат (Матта 5:40 қа қараң). Яки, нызам бойынша бир шақырым жүриўге мәжбүр қылғанда, еки шақырым жүриўге деген таярлық болып табылады (Матта 5:41 ге қараң). Жарастырыўшылық төмендегилерди нәзерде тутады: • жек көриўшилик емес, ал сүйиспеншилик көрсетиў; • туўысқанлар арасында бирликти қошаметлеў; • аспандағы Патшалықтың гүўалығын усыныў; • Ийсаның мысалы бойынша ис тутыў. 4. Ҳақлық ушын қуўдаланған Ҳақлық ушын қуўдаланғанлар бахытлы! Аспан Патшалығы олардики (Матта 5:10). Бизиң ҳақ болыўды қәлеўимиз арқалы қуўдалаўларда ўәделер де келеди. Қудайда беккем турған адамлар усыған ериседи. Биз қәўипсиз ҳәм қолайлы өмирде жасаў ушын шақырылмағанбыз. Ал биз қуўдалаўлар ҳәм азаплар арасында хызмет етиўимиз тийис. Қуўдалаўлардан қашып кетиўге тырыспаў керек. Себеби олар сизиң ҳақ өмириңиздиң нәтийжеси. Олардан қашып қутылыў ушын, ҳақ болып жасаўды тоқтатыў керек болады. Матта жазған Хош Хабардан алынған үзиндиде төмендеги сөзлер айтылған: «Адамлар сизлерди Мен себепли хорласа, қуўдаласа, ҳәр түрли өтирик сөзлер менен жаманласа, сизлер бахытлысызлар! Қуўаныңлар ҳәм шадланыңлар! Өйткени сизлердиң аспандағы сыйыңыз үлкен. Сизлерден бурынғы пайғамбарларды да усылай қуўдалаған» (5:11–12). Қуўдалаўларды пайда ететуғын басқа да көп жағдайларды атап өтиўге болады. Бирақ, усы китаптың алдынғы бапларындағыдай, масихыйлардың қуўдаланыў себебин Ийса Матта жазған Хош Хабардың 5-бабында ҳәм Юхан жазған Хош Хабарда (15:20) көрсеткенин тастыйықлаймыз: Мениң: «Хызметши хожасынан уллы емес», — деген сөзлеримди еслериңизге түсириңлер. Егер адамлар Мени қуўдаласа, сизлерди де қуўдалайды … Хожайынның тәғдири — бул қулдың тәғдири. Шәкирт устаздың жолы менен жүреди. Сонлықтан масихыйлар қуўдалаўлардан қашып қутыла алмайды. Бул — мәртебели тәғдир. Ҳәрекетсиз зат пенен соқлығысқан жеңип болмайтуғын күш сыяқлы, Масих пүткил дүньяны астан-кестен қылып, дурыс тәртип орнатты. Усының барысында, Ол дүньяны иштен силкитип таслады. Ерте заманлардағы жәмәәт Масихқа деген исеними себепли көп нәрселерди бастан кеширди. Бул қуўдалаўлар оның исениўшилериниң өмир тәризине күшли тәсирин жасады. Масихый мүсинши әтирапындағылар сыяқлы бутқа табыныўшылардың ибадатханасы ушын бутларды жасап бере алмады. Тигинши де бутқа табыныўшылардың руўханийлери ушын кийим тигип бере алмады. Олар жәмийетлик өмирге тәсирин жасады. Байрамлардың көпшилик бөлеги ҳәр түрли қудайларға арнап салынған ибадатханаларда өткизилетуғын еди. Әдетте, мирәт етилгенлерди усы қудайларға арнап берилген қурбанлықлар қойылған улыўма дастурхан әтирапына мирәт еткен. Ҳәтте, үйлердеги әпиўайы аўқатланыў да аўқат ушын миннетдаршылық ретинде қудайлардың ҳүрметине бир кесе шарап ишиў менен басланған. Масихый адам усындай нәрсеге қатнаса алар ма еди? Қуўдалаўлар хожалық ишинде де болған. Хожалықтың бир ағзасы Масихты қабыл етсе, басқалары оған душпанлық қатнаста болған. Усының нәтийжесинде, хожалық бузылған. Масихыйлық жийи-жийи көп азапланыўлар алып келип, айралық салған ҳәм ишки гүреске мәжбүр еткен. Буннан да жаўызырақ қуўдалаўлар ўақтында, масихыйларды арысланлар салынған торға таслаўы яки отқа жағып жибериўи де мүмкин еди. Неронның сарайындағы бағларды жақтыландырыў ушын, базыларын қара май менен майлап, тирилей жағып жиберген ямаса териге орап, аңшы ийтлерге жем қылған (Евр. 11:37 ге қараң). Масихыйларды кергиш пенен түйреп қыйнаған, денелерин атаўыз бенен тилким-тилким қылып таслаған, үстилерине қайнап турған қорғасын қуйған, денелериниң ең нәзик мүшелерине ыссы темир басқан, көзлерин ойған, аяқ-қолларын кесип таслаған ҳәм оларды азап шегиўшилердиң көз алдында отқа писирген, аяқ-қолларын отқа жандырып турып, азапты еле де созыў ушын денелерине муздай суў қуйған. Бизлердиң көпшилигимиз пүткил өмиримиз даўамында Ийса Масихқа ҳеш қандай да ҳақыйқый қурбанлық бермедик. Қуўдалаўларға ушыраў — бул әсирлер даўамында пайғамбарлар, мухаддеслер ҳәм азап шеккенлер жүрип өткен жол менен жүриўди аңлатады. Қуўдалаўлар себепли азап шегиў — изимизден киятырғанлардың өмирин жеңиллестириў. Қуўдалаўлар себепли азапқа қалыў — Шадрах, Мешах ҳәм Абед-Негоның лаўлап жанған пеште ислегениндей, Масих пенен биригиўди бастан кешириў (Дан. 3:19–25 ке қараң). Биригиў оншелли қайғылы болмаўы мүмкин, бирақ ол бәрқулла ҳақыйқый болады. Бизлердиң көпшилигимиз бүгинги күнде еркинлик арқалы келген жарылқаў себепли рәҳәтленемиз. Себеби бурынғы исениўшилер оны биз ушын өз қаны, тери ҳәм көз жасларының қуны менен сатып алған. Топардағы сабақлар 1. Кишкене топарларға бөлинип, усы бапта усынылған сабақларды талқылаң. Бахытлылық буйрықларының қайсы бири сиз ушын ис жүзинде қолланыўға ең қыйыны болып табылады? 2. Арқа Кореядағы жасырын жәмәәттиң исениўшилери өзлериниң жасырын жыйналысларында Ийемиздиң дуўасы менен биргеликте келеси бес қағыйданы жәриялайды: • Биз қуўдалаўлар менен азапларды қуўаныш пенен, мақтанышлы түрде бастан кеширемиз. • Биз Ийсаның аты ушын масқаралаўлар, мазақ қылыўларды ҳәм жоқшылықты қуўаныш пенен қабыл еткимиз келеди. • Биз басқалардың көз жасларын сүртип, азап шеккенлерди жубатқымыз келеди. • Биз жанымыздағы адамның масихый болыўы ушын оған деген сүйиспеншилик себепли өз өмиримизди қәўип астына қойыўға таяр болғымыз келеди. • Биз Қудайдың сөзинде көрсетилген үлгилерге сай өмир сүргимиз келеди. Бул исениўшилердиң ҳақ өмирге қалай таярланғаны ҳаққында талқылаң. 3. Мух. Франциск жазды деп есапланатуғын келеси дуўадағы нәрселерди талқылаң: ДҮНЬЯ УШЫН ДУЎА ЕТИЎ Ийем, мени Өз тынышлығыңның қуралы қыл; Маған жек көриўшилик бар жерге сүйиспеншилик егиўге жәрдем бер, Жәбир бар жерде кеширим бериўге, Қәте бар жерге ҳақыйқат апарыўға, Гүман бар жерге исеним апарыўға, Үмитсизлик бар жерге үмит, Қараңғылық бар жерге нур, Қайғы бар жерге қуўаныш апарыўға. О, Қүдиретли Қудай, Өзим жубаныш излемей, басқаларды жубатайын мен, Мени түсиниўин қәлемей, түсинейин өзим өзгени; Сүйиспеншилик излемей, өзим берейин оны. Өйткени биз бергенимиз арқалы ерисемиз, Кеширим берсек ғана кеширим аламыз. Өзимиз ушын өлсек, мәңгилик өмир ушын туўыламыз биз. Аўмийин. 4. Мухаддес өмир кеширгиси келген адамды қандай қыйыншылықлар күтип тур? Мухаддесликтиң қайсы тәреплерин заманагөй өмирде орынлаў қыйын? 5. Өз елиңизде ҳәм масихыйлар қуўдалаўлардан қыйналып атырған өзиңизге белгили болған басқа аймақлардағы ҳәр қыйлы халықлар ҳәм диний топарлар арасында узақ даўам еткен парахатшылық ҳәм келисим болыўы ушын биргеликте дуўа етиң. Он жетинши бап Қарым-қатнаста көринген сүйиспеншилик Перзентлерим, тек сөз ямаса тил менен емес, ал ис ҳәм ҳақыйқатлық пенен сүйейик. Юханның 1-хаты 3:18 «Қәдирли, Рут! Шемби күни күндиз Мен сениң аймағыңда боламан ҳәм сени көриў ушын, саған жолығып кетемен. Бәрқулла сени жақсы көриўши Ийса». Ол қағазды столға қойғанда, қоллары қалтырап турған еди. «Ийем неге маған келмекши? Мениң ҳеш бир айрықша жерим жоқ-ғо. Менде Оны қонақ қылатуғындай ҳеш нәрсе де жоқ». Усыларды ойлап турып, Рут асханадағы бос шкафлар ҳаққында еследи. «Оҳ, менде Қонақты күтетуғындай ҳеш нәрсе де жоқ екен-аў. Тез дүкәнға барып, түски аўқат ушын бир нәрсе сатып алыў керек». Рут шыжланға қолын созып, оның ишиндеги ақшаны санап көрди. Тек барлығы болып бес ярым доллар бар екен. «Енди не қыламан, ҳеш болмаса, нан ҳәм суўытылған кеспе гөш сатып аларман». Рут пальтосын кийип, қапыға қарай асықты. Француз наны, ярым фунт кесилген түйе таўық гөши, бир қуты сүт… Усыларды сатып алғаннан соң, Рутта келеси дүйшембиге дейин тек он еки цент ғана қалды. Солай болса да, онық кеўли тоқ еди ҳәм ол қолына алған затларын услап, үйине асығыс жүрип кетти. — Ҳәй, ханым, сиз бизге жәрдем бере аласыз ба? Рут күтип турған түски аўқатқа байланыслы ойлар менен соншелли бәнт болғанлықтан, қыябан тәрептен пайда болған еки сүлдерди дәслеп байқамай қалды. Ҳаял менен ер адам үстилерине жыртық-жыртық кийимлерди кийген еди. — Билесиз бе, ханым, мен жумыссызбан, бизлер ҳаялымыз екеўимиз бәрқулла даладамыз. Бирақ енди күн суўытып баратыр ҳәм аз-маз аш та болайын дедик. Ханым, сиз бизге жәрдем бере алмайсыз ба? Биз сизге миннетдар болған болар едик. Рут оларға қарады. Олар кир-кир, үстилеринен жаман ийис шығып турар, расын айтқанда, олар өзлери қәлесе, жумыс таба алатуғынына да Руттың исеними кәмил еди. — Мырза, мен жәрдем берер едим, бирақ өзим де жарлы ҳаялман. Менде бары-жоғы суўытылған кеспе гөш ҳәм аз-маз нан бар. Және де, бүгин жүдә әҳмийетли Қонақты күтпектемен ҳәм усылардың ҳәммесин Ол ушын таярлап қойыппан. — Ханым, яқшы, мен түсинемен. Рахмет, бизди кешириң. Еркек ҳаялды ийнинен қушақлады да, екеўи бурылып, қыябан тәрепке қарай жол алды. Рут олардың кетип баратырғанына қарап турды ҳәм бирден оның жүрегинде жақсы таныс болған сезим пайда болды. — Ҳәй, тоқтаңлар! Екеўи бирден тоқтап қалып, ол жуўырып бараман дегенше, ол тәрепке қарай бурылып турды. — Минекей, мына аўқатты алың. Мен Қонағымды күтиў ушын басқа нәрсе ойлап табарман, — деп ол қалтаның ишиндегилерди ер адамға берди. — Рахмет, ханым, көп-көп рахмет. — Рахмет сизге, — деди ер адамның изинен ҳаял да. Сонда Рут ҳаялдың суўықтан қалтырап турғанын көрди. — Сиз мениң пальтомды алағойың. Үйимде және бир пальтом бар. Және мынаны да алың. Рут үстинен жемпирин де шешип, ҳаялдың ийнине жапты. Кейин, мыйығынан күлип, бурылды да, көше бойлап пальтосыз ҳәм Қонағына арнаған азық-аўқатысыз жүрип кетти. — Ханым, рахмет сизге! Көп-көп рахмет! Рут үйине жетип бараман дегенше, тоңып қалды. Буннан тысқары, ол тәшиўишлене де баслады. Себеби оған Ийемиздиң Өзи келмекши еди-ғо. Ал онда Ийемизди қонақ қылғандай ҳеш нәрсе де жоқ. Үйиниң қапысы алдында ол шыжланындағы гилтти излей баслады. Сонда Рут қапыда және бир қағаз турғанын байқады. «Қызық, әдетте почташы күнине еки рет келмейтуғын еди-ғо», — деп ойлады Рут. Ол конвертти алып, оны ашты. «Қәдирли Рут. Сени көргениме сондай қуўанышлыман. Әжайып аўқат ушын рахмет. Әжайып пальто ушын да рахмет. Бәрқулла сени сүйиўши Ийса». Ҳаўа бурынғысынша суўық еди, бирақ Рут пальтосыз болса да, енди суўықты сезбеди. КИРИСИЎ Шопан Грег Лори (Greg Laurie, Tpe Upside Down Churh) дүньяны астан-кестен еткен жәмәәт ҳаққында жазған китабында былай дейди: «Биринши масихыйлар бутқа табыныўшыларды тартысып жеңген жоқ, ал олардан көбирек өмир кеширди. Масихыйлық соққыға соққы менен жуўап берип, бутқа табыныўшылықты ямаса иудаизмди жеңиўге ҳәрекет етпеди. Керисинше, I әсирдиң масихыйлары Қудайға исенбейтуғын адамларды өз ақылы, дуўалары ҳәм өмир тәризи менен жеңди. Олардың қуралы бийкарлаў емес, ал тастыйықлаў болды. Бизлердиң билиўимизше, олар қарсылық көрсетпеди ҳәм қатнасты үзбеди. Олар императорды тахттан қулатыўды шөлкемлестириўге тырыспады. Буның орнына олар дуўа етти, ўаз айтты, атанақ ағашта шегеленген, өлимнен тирилген ҳәм адамлардың өмирин өгертиўге таяр болған Масихтың хабарын жәриялады. Олар өз сөзлерин ислери менен тастыйықлады, олар берди ҳәм сүйди». Биз тез өзгерип баратырған дүньяда жасаймыз. Илим ҳәм технологияларда әҳмийетли ҳәм тәсирли ашылыслар болып өтеди. Сиясат ҳәм экономикада биз мәмлекетлердиң бирге ислесиўин, бийликти күшейтиў ҳәм бирге жасаўды қадағалаў мақсетинде өндиристиң араласып кетиўин көремиз. Бирақ, биз усы өзгерислер тәсир жасай алмайтуғын басқа нәрселерди де көремиз. Ол жерде әсирлер даўамында болып келген ашлық ҳәм кәмбағаллық машқалалары бар, урыслар ҳәўиж алған, жынаятшылық өсип бармақта ҳәм кеселликлер азаяр емес. Бизлер масихыйлар сыпатында буған не дей аламыз? ЖӘМӘӘТТЕ ДУЗ ҲӘМ НУР БОЛЫЎ Биз сөз еткен алдынғы баптағы бахытлылық буйрықларында, Ийемиз келеси сөзлерди айтқан еди: Сизлер — дүньяның дузысызлар. Бирақ дуз өз күшин жойтса, оны қалай және шорлы қылыўға болады? Онда ол ҳеш нәрсеге жарамайды ҳәм тек шығарып тасланып, адамлардың аяғы астында басылып қалады. Сизлер — дүньяның нурысызлар. Таў басына салынған қала жасырын болып қалмайды. Сондай-ақ шыраны жаққаннан соң, оны ыдыстың астына емес, ал шыра қойғышқа қояды, сонда ол үйдегилердиң ҳәммесине өз жақтысын түсиреди. Сол сыяқлы, сизлердиң нурыңыз адамлардың алдында жарқырай берсин. Адамлар сизлердиң жақсы ислериңизди көрип, аспандағы Әкеңизди даңққа бөлесин! (Матта 5:13–16). Бул жерде Ийса Өзин биринши тыңлаўшылар жақсы түсинетуғын еки күшли метафора яки еки затты, яғный дуз ҳәм нур образларын қолланады. Ийемиз Өз жәмәәтин орнатқан жерде жәмәәт еки ўазыйпаны иске асырыўы тийис. Буның ушын батырлық, жоқары әдеп-икрамлық, руўхый күш, сүйиспеншилик ҳәм қайырхомлық керек болады. Бундай тәсир масихыйлар жаманлықтың тарқалыўына тосқынлық қылса сезиледи. Комитетлерде ислеп, демонстрацияға шығыў яки партия ҳәм ғалаба хабар қуралларына қоңыраў қылыў ҳәм хат жазыў арқалы әдалатсызлық, зорлық, жаўызлық, бийпәрўалық, коррупция ҳәм әдеп-икрамлықтың болмаўы мәселелери бойынша жеке адам ямаса топар өз көз қарасын билдириўин қарап шығайық. Гейде бул ушын аз ғана нәрсе керек. Басқа ўақытта қамақта болыўға, ҳәтте, өлимге барыўға таярлықты көрсетиў керек болады. Зәрүр болғанда, биз усыған бара аламыз ба? 1. Жердиң дузы Ийса: «Сизлер — дүньяның дузысызлар», — дегенде, ҳақыйқатлықты айтқан еди. Бул буйрық та, қәлеўди билдириў де емес. Ал ҳәзирги ўақыт ҳақыйқаты. Ийса усы сөзлер арқалы Қудай өзлеримизди қандай қылған болса, сондай болыўымыз кереклигин айтқысы келеди. Матта жазған Хош Хабарда келтирилген үзиндиниң контекстинде қуўдалаўлар қәўипи туўған масихыйлар туўралы сөз етиледи. Дуз аз муғдарда керек болады, бирақ ол өз-өзинен айрықша әҳмийетке ийе емес. Бир жерде ол арзан нәрсе, ал басқа жерде ол қымбатырақ. Бизиң бир нақылымыз адамның қуны дуздың аўырлығы менен өлшенетуғынын айтады! Дуздың баҳасы өзгерип турыўы мүмкин, бирақ дуздың өзи оның баҳасынан анағурлым дәрежеде үстин болған айрықша қәсийетлерге ийе. Масихыйлар исенимде беккем турғанда, усылар жүз береди. Масихыйлардың бундай орны жаманлықтың өсиўин ҳәм наҳақлықтың тәсир жасаўын мүмкин қылмай қояды. XVIII әсирде, Джон Уэсли (John Wesley) ҳәм Джордж Уайтфилдтиң (George Whitefield) хызмет еткен дәўиринде, Англияда ояныў дәўири болып, ол сол жыллары Францияда болып өткен қанлы революция қәўипинен сақлап қалды. Масихыйлардың бундай жақсы тәсири адамлар арасындағы дәрежеде байқалады. Исенимге келиўлер болады, адамлар ҳүждан азабын сезеди, оларда басқа адамларға деген ҳүрмет өседи. Масихтың шәкиртлери өз исеними туўралы үндемей тура алмайды. Олар жасырынып жүрмеўи тийис, ал ашық жасаўы ҳәм олардың тәсири айрықша билинетуғын жерлерде ислеўи тийис. Олардағы жарқыраған нур басқа адамларға тәсир жасайды ҳәм олар ҳақыйқый масихый ийгиликтиң нурын көреди. Бул нур усы дүньядан емес, ал Қудайдан болып, нәтийжеде нурды Бериўшиге даңқ ҳәм мақтаў алып келеди. Дуз әййемги дүньяда өзиниң төрт қәсийети себепли жоқары баҳаланған. Дуз — таза нәрсе Қуяш ҳәм теңизден туўылатуғын, аппақ болып жарқыраған дуз қудайларға берилген барлық қурбанлықлар арасындағы ең әпиўайысы. Егер масихый дуз болғысы келсе, ол пәклик үлгиси болыўы тийис. Дүньяда барлық заманлар даўамында ҳадаллық дәрежесин, жумыстағы ғайрат, пәк ҳүждан ҳәм әдеп-икрамлықты төмен қойыўға ҳәрекет етилип келинди. Масихый сөйлеўде, минез-қулықта ҳәм ойлаўда жоқары дәрежеде болыўы тийис. Егер сөзлер пәк өмир менен дәлилленбесе, олар тәсирсиз болады. Дуз — арзан нәрсе Масихыйлардың саны аз ҳәм олар жәмийет ушын пайдасыз болып көринеди. Коринфлилерге жазылған 1-хатта (1:26–31) Павел ерте заманларда жасаған масихыйларға қарата мына сөзлерди айтады: Туўысқанларым, Қудай тәрепинен шақырылған ўақтыңызда ким болғаныңызды еске түсирип көриңлер. Адамның көз қарасы бойынша араңызда даналар да, бийликке ийе адамлар да, ақсүйек адамлар да көп емес еди. Бирақ, Қудай даналарды уятқа қалдырыў ушын, дүнья ақылсыз деп санаған адамларды, күшлилерди уятқа қалдырыў ушын, дүнья ҳәлсиз деп санаған адамларды таңлады. Ол және де, дүнья әҳмийетли деп санағанларды арзымас қылыў ушын, дүнья шығысы төмен, пәс ҳәм әҳмийетсиз деп санағанларды таңлады. Қудай буны Өзиниң алдында ҳеш бир адам мақтанбаўы ушын иследи. Бирақ, сизлер өмириңиздиң тийкары болған Қудай себепли, Масих Ийса менен қарым-қатнасқа ийесиз. Масих бизлер ушын Қудайдың даналығы болып, бизлерди ақлап, мухаддес қылды ҳәм гүналарымыз ушын төлем төлеп қутқарды. Солай етип, Мухаддес Жазыўда айтылғандай: «Мақтанатуғын адам Ийемиз бенен мақтансын». Масихыйлар аз болса да, олар пүткил жәмийетке ҳадал тәсир жасаў ушын шақырылған. Дуз қосымта сыпатында қолланылады Дуз гөшке сүртилсе, оны бузылыўдан сақлайды. Өмири арқалы «жарылқанған» екенин дәлиллейтуғын масихыйлар өз-өзинен шириў ҳәм қулаўға бейим болған жәмийетти өзин өзи жоқ қылыўдан сақлайды. Бийлер китабында (9:45) Абимелех Шихем қаласы үстинен жеңиске ерисип, оны қыйратып таслады ҳәм оның жерине дуз сеўип шықты. Руўхый мәнисте Қудайға деген исенимде беккем турған масихый усылай ислейди. Ол бул жерди жаманлық ҳәм ҳәр түрли наҳақ тәсирди тарқатыўға жарамсыз қылады. Буларға мектеп яки дослар, колледждеги курсласлар яки жумыстағы кәсиплеслер ҳәм спорттағы шериклер жатыўы мүмкин. Егер биз жоқары төлем төлеўге таяр болсақ, онда дүньяны бузылыўдан сақлай алатуғын гүўалық пенен бөлисе аламыз. Дуз аўқаттың дәмин күшейтиў ушын қолланылады Дуз аўқатқа өз алдына дәм береди. Қудайдың халқының көбейиўи ҳәр түрли адамлардың өмирге деген қызығыўшылығын күшейтиўи керек. Ийса Өзиниң адамлардың өмиринде қатнасыўы арқалы олардың руўхын көтерди. Оның өмиринде әпиўайы сөзлер менен түсиндириў мүмкин болмаған бир нәрсе болды. Бизиң сөзлеримиз дузлы болыўы тийис: «Сөзиңиз ҳәмме ўақытта жағымлы ҳәм дузлы болсын. Сонда сизлер ҳәр бир адамға қалай жуўап бериў кереклигин билип аласызлар» (Колоса. 4:6). «Аўызларыңыздан ҳеш бир жаман сөз шықпасын. Ал орны менен сөйлеп, еситкенлердиң руўхын көтеретуғын пайдалы сөзлерди айтың» (Ефес. 4:29). Бул контекстте Павел Мухаддес Руўхты қапа қылмаў кереклигин де нәзерде тутады. Адамның сөзлери оның руўхый жағдайы менен туўрыдан-туўры байланыслы ҳәм дөретиў ямаса қыйратыў бойынша үлкен мүмкиншилик болғанлықтан (Яқып 3:3–12), биз сергек болып, аўзымыздан не шығып атырғанына итибар қаратыўымыз тийис. Биз исенбейтуғын адамлардың дүньясына олар менен қарым-қатнасымыз, жәмийет турмысында қатнасыўымыз арқалы Масихтың хош ийисин алып барыўымыз тийис. 2. Дүньяның нуры Сол сыяқлы, сизлердиң нурыңыз адамлардың алдында жарқырай берсин. Адамлар сизлердиң жақсы ислериңизди көрип, аспандағы Әкеңизди даңққа бөлесин! (Матта 5:16). Ийса — дүньяның уллы Нуры (Юхан 8:12). Оған исенгенлер қараңғылықтан Оның әжайып нурына шығарылған (Колоса. 1:12–13) ҳәм олардың өзи де нурға айланады. Негизинде, олар бахытлылық буйрықлары бойынша жасайды. Нур патас нәрсени ашық көрсетеди Егер масихыйлар мухаддес ҳәм ҳақ өмир сүрсе, сол өмир басқа адамлардың наҳақ ислерин ашып, әшкара қылады (Ефес. 5:8–14). Мысалы: пара алыўшы адамлар пара алмайтуғын адамларға жүдә сезимтал. Мәмлекетлик мекемелерде ислеўшилер ҳақлығы ҳәм ҳадаллығы менен өзлериниң қатнасыўы арқалы жынаятшылық дәрежесин азайта алады. Нур жолды жақты қылады, сонлықтан биз сүрникпеймиз Сөзлериң қәдемлерим ушын шыра, жолымды жарық қылатуғын нур (Забур 118:105). Егер масихыйлар Қудайдың сөзине сай жасаса, олардың өмири өзи ушын жасайтуғын өмир менен салыстырып болмайтуғын жоқары мәнис ҳәм бағытқа ериседи. Бул бақлап турған дүньяның дыққатын сөзсиз өзине тартады. Сонда дүнья алдында бундай үлгини қабыл етиў яки қабыл етпеў таңлаўы турады. Бизиң үлгимизди қабыл етпегенлер ушын нур қараңғылыққа айланады. Усы нурды қабыл еткен адамға нур өмир сыяқлы жақты болып турады ҳәм олар енди надурыс шешимлерди қабыл етпейди. Нур қараңғылықты қуўып жибереди Күндизге қарағанда, көп жынаятлар түнде жүз береди. Оған исенген адам ҳүким етилмейди. Ал исенбеген адам әлле қашан ҳүким етилген, өйткени ол Қудайдың жалғыз Улының атына исенбеди. Ҳүким мынадан ибарат: дүньяға нур келди, бирақ адамлардың ислери жаман болғанлықтан, олар нурға қарағанда қараңғылықты жақсы көрди. Жаманлық ислеўши ҳәр бир адам нурды жек көреди ҳәм ислери әшкара болмаўы ушын, нурға келмейди. Бирақ ҳақ ис ислеўши адам ислериниң Қудай алдында исленгени көринсин деп, нурға келеди (Юхан 3:18–21). Нур қорқынышты серпип жибереди Нур жарқырап кеткенде, түндеги көлеңкелер жоқ болып кетеди. Қараңғылықтан қорқыўшы адамлар жақтыда уйықлаўды мақул көреди. Нурдың басқа ўазыйпалары Нур бизге досты душпаннан, ҳақыйқатты жалғаннан айырып билиўге жәрдем береди. Ол бизге өз жумысымызды орынлаўымызға жол қояды. Еле күндиз екен, Мени Жибергенниң ислерин ислеўимиз керек. Түн келеди, сонда ҳеш ким ислей алмайды (Юхан 9:4). Нур өсимликлерге өсиў мүмкиншилигин береди. Және де, ол заманагөй технологияларда телекоммуникация тараўында (талшықлы оптика) қолланылып, кеселлерди емлеў (лазер жәрдеминде), китап басып шығарыўда ҳәм т. б. жәрдем береди. Хош Хабардың нуры көп тәреплеме жарылқаў болып табылады. Оның нурында жасаўшы масихыйлар өз гезегинде басқаларға жәрдем берип, олар менен өмир, өлим, гүна ҳәм қутқарылыў, Қудай, шайтан, аспан ҳәм дозақ ҳаққында билим менен бөлисе алады. Бул мәселелер адамзатты бәрқулла қызықтырып келген ҳәм оларға адамзат бәрқулла дурыс жуўап табыўға ҳәрекет етеди. Нур тек сөзлерде емес, ал «жақсы ислерде» де ҳәмме ўақытта билинеди. Сол жақсы ислер адамларға аспандағы Әкемизди алғыслаўға жол ашып береди. Кумазиде (Гана) бир африкан компаниясы қаланы тазалаў бойынша топарлар шөлкемлестирди. Хош Хабар айтпастан бурын, масихыйлар мәмлекетлик ҳәмелдарлардан қаланы тазалаўға рухсат сорайды. Олар жумысшылар топарына сипсе ҳәм сабынлы суўы бар шелеклер берип, қаланы тәртипке келтириў ушын жибереди. Хош Хабар тарқатыў бойынша әҳмийетли илажлардан алдын масихыйлар емлеўханаларды жуўады, қала парклери менен мәмлекетлик мекемелерде азадалық ислерин жүргизеди. Айырым масихыйлар Амстердамдағы халықаралық гомосексуалистлердиң ушырасыўы өткизилген ўақытта да усы дөретиўшилик усылды қолланды. Олар фестивальға келген көп санлы гомосексуалистлердиң халық аралық шөлкем топарлары менен өз исенимин бөлиспекши еди. Бул ушырасыўға жүз мың қатнасыўшы, тамашагөйлер ҳәм саяхатшылар қатнасты. Масихыйлар наразылық ҳәрекетлерин шөлкемлестирип отырмады, ал Қудайдың сүйиспеншилигин жәриялаўшы қағазлар менен бирге бес мың сары роза тарқатып шықты. Фестивальдың базы мийманлары бул сыйды қабыл етиўден бас тартса да, бундай усыл розаны қабыл еткенлер менен сәўбет баслаўға жол ашып берди. Солай етип, розаны қабыл еткенлер Қудайдың өзлериниң жынысый бағдарын жақтырмағаны туўралы емес, ал Оның гомосексуалистлерди сүйетуғыны туўралы билгенде ҳайран қалды. Гүллерди тарқатыўдан тысқары, олар саз әсбапларында ойнады, халық толған көшелерде аяқ ойынға түсти, қара кофе тарқатты ҳәм Амстердам вокзалында аяқ кийимди жылтырататуғын нәрсени ешейин усыныс етти. 3. Ескертиў Ийса Масихтың жәмәәти дүньяны қайта қурыў шақырығына жуўап бере ала ма? Бизиң дүньяға тәсир жасаў қәбилетимиз оған уқсамаўызға байланыслы. Басқаша болып көриниўдиң ямаса бул нәрсени көз-көз қылыўдың ҳәжети жоқ. Биз әлле қашан басқамыз. Бизге тек ғана бир нәрсе, яғный өзгеше екенимизден уялмаўымыз керек болады. Егер бизде өмиримизди әтирапымыздағы дүньяның өмиринен жақсы сыпаты менен айырып туратуғын әдеп-икрамлық сезиминиң өткирлиги болмаса, онда биз бул дүньяның дузы бола алмаймыз. Егер бизиң өмиримиз Масихтың даңқының нуры менен жарқырап турмаған болса, онда биз Оған адамларды алып келе алмаймыз. Юхан жазған Хош Хабарда келтирилген Ийсаның дуўасында усы ҳаққында айтылады (17:15–19). Жәмәәт дүньяға өзиниң қайырхомлығы менен тәсир жасаў ҳәм адамлардың қутқарылыўы ушын оларды Ийемизге алып келиў мақсетинде дүньядан айырмашылыққа ийе өмир кешириўге шақырылған. Индонезияда экстремистлер топары масихыйлардың жәмәәтлери менен дүкәнларын тонап, ипласлап, қыйратып таслады. Усы топарлардың бири жәмәәт имаратын жағып жибермекши болды. Деген менен, экстремистлер қоңсы туратуғын мусылманлардың имаратты қоршап алып, оны жағып жибермеўди өтингенин көргенде, қатты таң қалысты. Таң қалған экстремистлер турғынлардан былай деп сорады: «Сизлер не ушын булай ислеп атырсыз? Бул — масихый жәмәәт-ғо ҳәм оған бизиң қәўимимизде орын жоқ!» Бирақ қоңсылар былай деп жуўап берди: «Аўа, бул масихый жәмәәт. Солай болса да, олар жақсы адамлар. Олар бизлерди ҳүрмет етеди ҳәм бизиң қәўимимиз ушын көп жақсылық қылды. Сизлерге олардың имаратын жандырыўға яки оларды қапа қылыўға жол қоймаймыз». Жынаятшылар жоқ болып кетти. Сиз өзлериңизди қоршаған жәмийетке өз сүйиспеншилигиңиз, қайырхомлығыңыз ҳәм ҳақ өмир кешириўиңиз бенен тәсир жасап атырған болсаңыз, онда адамлардың, ҳәтте, ҳүкиметтиң ҳүрметин қазанасыз. Бундай гүўалық адамларды Масихқа тартады. АДАМГЕРШИЛИКЛИ ЖӘРДЕМ Яқыптың хатында (1:17) былай делинген: «Әкемиз Қудайдың алдында пәк ҳәм қәтесиз диншиллик бул — жетим-жесирлерге қыйын күнлеринде жәрдем етип, өзин дүньяның напәкликлеринен сақлаў». Қудайдың сүйсипеншилиги бизди аш адамды тойдырыўға, жарлы адамды кийиндириўге, ҳәлсиз адамды қорғаўға ҳәм суў тасқыны, жер силкиниў, эпидемиялар ҳәм урыслар себепли азап шеккен адамларға жәрдем бериўге шақырады. Буған өзиниң Масихқа деген исеними себепли азап шеккен адамларды қоллап-қуўатлаў ҳәм оларға жәрдем бериў де жатады. Жәмәәт үшинши еллерде иске асырылып атырған улыўма билим бериў ҳәм медицина бағдарламаларын бәрқулла басқарып келген. Бизге жийи-жийи қайырхомлыққа мүтәж болғанларды излеп, узаққа барыўға ҳәжет жоқ. Ҳәр бир қалада адамгершиликли жәрдемге мүтәж болған жарлы адамлар жасайтуғын аймақлар бар. Усындай адамлар ҳаққында тез-тез ойлаймыз ба ҳәм оларға жәрдем бериўге қаншелли дәрежеде таярмыз? Биз олар ушын не ислей аламыз? Биз дүнья мүтәжликлерине қарағанымызда, албырап қаламыз: бизиң әлемдеги адам саны жылына тоқсан миллион адамға көбейип, тезлик пенен өсип бармақта. Азық-аўқат өнимлерин ислеп шығарыў өндириси өсип баратырған халық талабын зорға қанаатландырады. Егер бир жерлерде апатшылықлар болса, нәтийжеде азық-аўқат жетиспеўшилиги пайда болып, ашлық келеди. Гейде бай мәмлекетлер өз экономикасын қәўипсиз қылыў ушын, жарлы миллетлердиң экономикасын раўажландырыўға жәрдем бериўден бас тартады. Бул еллерге аўысық азық-аўқат гуманитар жәрдем сыпатында берилгенликтен, жергиликли аўыл хожалық бузылады. ИЖАС (СПИД), туберкулез ҳәм басқа кеселликлер қоршаған орталықты патаслаў менен биргеликте, әсиресе жарлы еллерде адамлардың ден саўлығын кем-кемнен бузып барады. Масихыйлар не ислей алады? Масихый гуманитар жәмийетлер өзлериниң қаржы қорларын даналық пенен басқарыўы ҳәм Ийемиз қайырхомларға ақшаны қалай, не ушын бериў кереклигин көрсетиўи ушын дуўа етиң. Азық-аўқатлар ямаса ақшалар ҳәмме ўақытта да керек болмайды. Гейде руўхый жетекшилерди таярлаў ҳәм оларды Қудайдың сөзи менен тәмийинлеў әҳмийетлирек болады. Андрей туўысқанымыздың айтыўынша, мүтәжлик ҳәм жоқшылық Юхан жазған Аян китабындағы Ийсаның бийнесиниң тымсалы болып табылады. Жәмәәттеги көп адамлардың жүреги қайырхомлық ҳәм сүйиспеншилик ислери ушын жабық. Сонлықтан Ийса кириўге рухсат сорап, қапыны қағып тур. Ол тәсир жасаўшы сүйиспеншилик ушын жүреклерди ашады. «Ашық есиклер» миссиясы 1998-ши ҳәм 1999-жылларда биринши рет Судандағы масихыйлар ушын бир неше тонна азық-аўқатты гуманитар жәрдем сыпатында жеткизип берди. Бул ис сол елдеги исениўшилер соншелли азғын болып, оқыў бағдарламаларына дыққатын жәмлей алмағаны себепли исленди. Сол ўақытқа келип, бул аймаққа ҳеш ким жәрдем қолын созбаған еди. Бул жойбар «Сүйиспеншиликтеги ийгилик» деп аталды. БАСҚА АДАМЛАРҒА ДЕГЕН СҮЙИСПЕНШИЛИК Мухаддес Руўхтың сыйлары арасында сүйиспеншилик биринши орында турады. Биреў былай деген екен: «Масихый өмир тек сүйиспеншилик арқалы ғана көринеди». Коринфлилерге жазылған 1-хаттың 13-бабында сүйиспеншилик түсиниги ҳәм масихыйдың өмиринде сүйиспеншиликтиң көриниўи кең түрде талланады. Agape (сүйиспеншилик) — бизиң пүткил өмиримиздиң негизи болып, оны ҳәр бир адамға, ҳәтте, оған ылайықлы болмаған адамларға да (өйткени олар ҳеш кимге деген жақсы сезимге ийе болмағанлықтан, бизлер оларды сүйиспеншиликке ылайықсыз көремиз) көрсетиўимиз тийис. Agape (сүйиспеншилик) — сөзсиз сүйиспеншилик. Ол орнына ҳеш нәрсе сорамайды ҳәм қандай қатнас пенен жуўап берилгенине қарамайды. 1. Қудайға деген сүйиспеншилик Биз биринши гезекте Қудайды, кейин адамларды сүйиўимиз керек. Мухаддес Китаптағы сүйиспеншилик ҳаққында тәлийматты үйренип барған сайын, әсиресе Жаңа Келисимде усы сүйиспеншиликтиң мол екенин де көремиз: • Қудайға деген сүйиспеншилик ҳәмме нәрсениң орайында; • күйеўге (ҳаялға), балаларға ҳәм хожалыққа деген сүйиспеншилик; • Масихтағы туўысқанларға деген сүйиспеншилик; • жанымыздағы адамға деген сүйиспеншилик; • душпанға деген сүйиспеншилик. 2. Хожалыққа деген сүйиспеншилик Мухаддес Китапта ер адамға ҳаялын, ҳаялға күйеўин сүйиўи бойынша берилген буйрықты түсиниў қыйын емес. Ҳаялды сүйиў — бул Масих жәмәәтти сүйип, ол ушын Өз өмирин қурбан еткендей қылып сүйиў болып табылады! (Ефес. 5:25–29 ға қараң). Масихый сүйиспеншилик үйден басланады. Усы жерде ғана сүйиспеншилик ҳақыйқаттан сыннан өтеди. Себеби хожалықта ғана биз ашылып, өзимиздиң негизинде қандай екенлигимизди көрсетемиз. Хожалықта өтирик сүйиспеншилик көрсетиў мүмкин емес. 3. Қудайдың үлкен хожалығындағы сүйиспеншилик Юхан жазған Хош Хабарда (13:35) Ийса Өз шәкиртлериниң исениўши туўысқанларға деген сүйиспеншилигинде (agape) ҳақыйқый шәкиртлик гүўалық көринетуғынын көрсеткен еди. Усы сүйиспеншилик бул дүнья ушын Ийсаның ҳақыйқый шәкиртлерин айырып туратуғын кәраматлы нышан болыўы тийис. 4. Жақын адамға деген сүйиспеншилик Уллы тапсырманың екинши бөлими (Лука 10:27) төмендегише: «Өзиңди сүйгениң сыяқлы, жақыныңды да сүй». Бул үзиндиде Ийса мийримли самариялы туўралы гүрриңди айтып берди. Гүрриңдеги жақын адам жәрдемге мүтәж болған ҳәр бир адам болыўы мүмкин. Қыстың ортасында, қамақта болған бир масихый ғаррының қулағы қатты аўырып қалды. Ол тери бас кийимин сақлап қалғаны ушын Қудайға миннетдаршылық билдирди. Усы бас кийим оны қақаман суўықтан сақлады. Ҳеш болмаса, ол бас кийимди түнде басына дастанып жататуғын еди. Бир күни қамақта бирге болған адам оннан бай кийимин сорады. Масихый қамақтағы басқа адамлар менен аўқатын бөлисиўге таяр еди. Бирақ ол бас кийимин басқаға бергиси келмеди. Және де, қулағы да асқынлап аўырып жүргенликтен, бас кийим өзине де керек. Ол түни менен өз ҳүжданы менен гүрести. Оның есине: «Сеннен сорағанға бер, сеннен қарызға алайын дегеннен аяма», — деген аят түсти (Матта 5:42). Түнги дуўа етиўден соң, ол Қудайдан кеширим сорап, бас кийимин өзинен сораған адамға бермекши болды. Ал азанда бас кийимди сораған сол адамның еле де суўығырақ камераға көширилгенин билди. Сол күни азанда-ақ, қараўыллар камерада әдеттеги тинтиў ислерин өткизип, масихыйдың басқа жеке затларына қосып, оның тери бас кийимин де тартып алды. Ол жойтыўы керек болған затты сақлап қалыўға ҳәрекет еткен еди. Бирақ Қудай бас кийимниң қамақтағы басқа адамның күнине жараўын қәлеген еди. Көп жыллар даўамында, қамақта болған усы адам өзине Мухаддес Руўх берген сабақты есте сақлап қалды. 5. Душпанға деген сүйиспеншилик Ийсаның душпанларымызды сүйиў кереклиги бойынша берген буйрығын орынлаў ҳәммесинен де қыйынырақ болса керек (Матта 5:44 ке қараң). Ҳақыйқый масихый басқа адам ушын ең жақсы жолды излейди. Ҳәтте, сол адам өзине жаман қатнаста болса да усылай қылады. Бир адам былай деген еди: «Душпанды жоқ қылыўдың бирден бир масихый жолы — душпанды досқа айланаман дегенше сүйиў болып табылады. Румын шопаны, доктор Пол Негрут (Paul Negrut) ески достысын үйине барып көрди. Достысы әпиўайы үйде жасайтуғын еди. Полдың достысының аты Триан Дорс еди. Пол бөлмеге киргенде, достының қанға былғанып атырғанын көрди. Ол достысынан не болғанын сорады. Триан былай деп жуўап берди: — Жаңа ғана бул жерге жасырын полиция келип кетти. Олар келип, мениң қол жазбаларымды тартып алып, мени сабап кетти. Пол жасырын полицияның жаўыз усылларына наразылық билдире баслады. Бирақ Триан оны тоқтатып: — Туўысқаным Пол, Масих ушын азап шегиў қандай әжайып. Қудай бизлерди бүгин кешқурын полицияға наразылық билдириў ушын емес, ал Оны алғыслаў ушын дусластырды. Кел, дизе бүгип, дуўа етейик, — деди. Триан дизе бүгип, жасырын полиция ушын дуўа ете баслады. Ол Қудайдан полицияны жарылқап, оны қутқарыўды сорады. Триан Қудайға полицияны қаншелли жақсы көретуғынын айтты. Ол: — Ийем! Егер олар және келсе, Сеннен өтинемен, оларға хызмет етиўге мүмкиншилик жаратып бере гөр, — деди. Кейин Пол былай деди: «Усы ўақытқа келип, мен қатты уялып қалдым. Мен өзимди Румынияда Ийемиз ушын ең қыйын өмирде жасап атырман деп ойлаған едим. Мен өз ойларыма ашынып кеттим». Кейин Триан Дорс Полға жасырын полицияның бир неше жыл даўамында үйине келип турғанын айтып берди. Ол полицияшылардың өзин ҳәптесине еки рет сабайтуғынын айтып, барлық жумысларын тартып алып кеткенин билдирди. Триан өзин сабағаннан соң, полиция офицери менен сөйлесетуғын еди. Триан оның көзлерине қарап, оған: — Мырза, мен сизди жақсы көремен. Егер биз ендиги рет Қудайдың тахты алдында ушырассақ, сиз мениң сизди жек көргеним себепли емес, ал өзиңиздиң Қудайдың сүйиспеншилигин қабыл етпегениңиз ушын дозаққа барасыз, — деген еди. Триан усы сөзлерди өзин ҳәр сабағаннан кейин қайталайтуғын еди. Арадан бир неше жыл өткеннен соң, күнлердиң биринде, түнде Трианға сол офицер келди. Триан және таяқ жеўге таярлана баслады. Бирақ офицер оның менен жүдә мүләйим сөйлесип, былай деди: — Мырза Дорс, бизиң келеси ушырасыўымыз Қудайдың алдында болады. Мен бүгин сизден ислеген барлық жаманлықларым ушын кеширим сораў ушын келдим. Сизиң сүйиспеншилигиңиз мениң жүрегимди елжиретип жибергенин билиўиңизди қәлеймен. Мен Масихтан өзимди қутқарыўды сорадым. Еки күн алдын шыпакер менде рактың өтлесип кеткен түрин тапты. Қудайдың алдына кетпесимнен бурын, мениң тек бир неше ҳәптелик ғана өмирим қалды. Бүгин мен сизге о дүньяда бирге болатуғынымызды билдириў ушын келдим. Масихыйлар биргеликте дуз ҳәм нур бола алса, ал бөлек-бөлек ҳәр бир адамға ҳақыйқый agape (сүйиспеншилик) көрсете алса, жеңисти қолға киргизеди. Топардағы сабақлар 1. Бул баптан өзиңиз алған жақсы сабақларды талқылаң. Бул сабақта атап өтилген нәрселердиң ҳәр бирине байланыслы сизиң өзиңизде ҳәм (ямаса) жәмәәтиңизде болған жетискенликлер ҳәм кемшиликлерди санап айтып бериң. Егер мүмкиншилик туўылса, не үстинде ислеген болар едиңиз? 2. Сабақты өзиңиздиң ҳәлсиз тәреплериңизди мойынлаў, сиз ҳәм (яки) сизиң жергиликли жәмәәтиңиз ислей алған нәрселер ушын Қудайға миннетдаршылық билдириў менен жуўмақлаң. Тағы да, не ислеў кереклиги ушын да дуўа етиң. Талқылаў ушын сораўлар: 1. Өзиңиз тийисли болған масихый қәўим қалайынша аймағыңызда нур ҳәм дуз бола алады? 2. Адамларға agape (сүйиспеншилик) көрсетиўге байланыслы қайсы тараў сиз ушын ең қыйын болып көринеди? 3. Душпанларды жақсы көриў дерлик мүмкин емес. Сүйиспеншилик көрсеткиси келген масихый қандай күшке ийе? Өз душпанымызды жақсы көриў ҳәм соның менен бир ўақытта оларға қарсы гүресиў мүмкин бе? Он сегизинши бап Сабырлылық ҳәм ақыл-нәсият Айырым адамлардың әдетке айландырғанындай, жыйналысларымызды қалдырмайық. Керисинше, Ийемиз келетуғын сол күнниң жақынлағанын билип, бир-биримизди еле де көбирек жигерлендирип барайық. Еврейлерге 10:25 Қытайда жасаўшы бир масихый апамыздың күйеўи исеними себепли дерлик жигирма еки жылға ҳүким етилгеннен соң, апамыз алты баласы ҳәм қәйин енеси менен жалғыз өзи қалды. Ол төмендегилерди айтып берген еди: «Мениң шопан болып хызмет ететуғын күйеўимди 1958-жылдың апрелинде қамаққа отырғызғанда, маған оны енди ҳеш қашан көрмейтуғынымды айтқан еди. Мениң жүрегим түскинликке толды. Мен Қудайға наразылық билдире басладым. Келешек маған соншелли тас түнек болып көринди! Бир күни түнде Қудай маған сөйлеп, былай деди: — Булардың ҳәммеси Меннен келди! Мен былай деп жуўап бердим: — Егер булардың ҳәммеси Сеннен болса, өтинемен, мениң хожалығымды ҳәм мени Өзиң қорғай гөр. Маған Сениң атыңды бийабырай қылмаўға жәрдем бер. Сениң изиңе ерип, Сени алғыслап жүргим келеди! Сонда мениң жүрегиме тынышлық орнады. Адамлар мени жийи-жийи алдап кететуғын еди. Бирақ усы жыллардың ҳәммеси даўамында Қудай маған бәрқулла ғамхорлық қылып келди. Қудай мени сынап та келди. Ең биринши сынақ хожалықты қаржы менен тәмийинлеў болды. Мен күнине тек жетпис цент ғана ислеп табатуғын едим. Бул ақшаға үлкен хожалықты тойдырыў мүмкин емес еди. Бирақ Қудай бизлерди Илиясты тәмийинлегендей қылып, тәмийинлеп турды. Ол маған Шопан ҳәм Тийкар болыўды ўәде етти. Бир күни қәйин енем ертеңги күн ушын ҳеш қандай азық-аўқат қалмағанын айтты. Ол азанда қызына барып, оннан жәрдем сораўды шешти. Сол күни түнде-ақ, мен Қудайдан не ушын ертеңги күн ушын азық-аўқат бермегенин сорадым. Дуўа етип болғанымнан соң, Ол маған: «Егер Мен қусларға ғамхорлық көрсетеди екенмен, демек, саған да ғамхорлық көрсетемен», — деди. Мен тыныш уйықлап қалдым. Ертеңги күни азанда, саат азанғы алтыға бес минут қалғанда, қапы қағылды. Мен қапыны ашқанымда, қапы алдында, өзим өмиримде биринши рет көрип турған алпыс жаслар шамасындағы ҳаял тур еди. Ол меннен: — Сиз туўысқанымыз Элиссиз бе? Мен сизди зорға таптым. Мухаддес Руўх маған сизге мынаны бериўди айтты. Ҳаял столға қолындағы затты қойып, қапыға қарай жүрди. Мен ҳаялдан атын сорағанымда, ол: — Мениң атым жоқ. Тек Ийемизге миннетдаршылық билдириң! — деп жуўап берди. Ҳаял сыртқа шықты да, ғайып болды. Мен оралғанды аштым. Азық-аўқатлар арасынан елиў доллар салынған конвертти таптым. Қудай ҳеш қашан кеш қалмайды. Бизлер бир рет те аш қалмадық. Мениң қәйин енем: — Демек, маған бүгин қызыма барыўға туўра келмейди екен, — деди. Узақ жыллар даўамында бундай жағдайлар көп болды. Өз мәнзилин жазбай, адамлар почта арқалы үзликсиз ақша жиберип турды. Екинши сынақ партия органлары тәрепинен болған басым болды. Себеби күйеўимди қытай коммунистлериниң динге қарсы сиясатына бойсынбағаны ушын қамаққа отырғызған еди. Олар мени де революцияға қарсы деп есаплаған еди. Маған және бир рет күйеўимди ҳеш қашан көрмейтуғынымды айтты. Ҳәр күни ҳүкимет исенимнен қайтыўға ҳәм күйеўим менен айырылысыўға мәжбүрлеўге ҳәрекет етти. Басым жасап, ҳәр күни мени алты саат даўамында тергеў менен қыйнады. Егер мен Ийемизди билмегенимде, өзимди өзим өлтирген болар едим. Мен билетуғын еки ҳаял усындай жағдай себепли ақылдан азып, өз өмирлерине қаслық қылды. Ал мен Қудайдың жәрдеминен толық үмит еттим. Азаплы тергеўлер ўақтында, мен көзлеримди жаўып, үнсиз дуўа ететуғын едим. Үшинши сынақ аўыр жумыстан ибарат болды. Маған қарсы қойылған айыплаўлар себепли, маған фабрика ямаса мекемеде ислеўге рухсат бермеди. Алты саатлық тергеўден соң, мен аўыр жумыс ислеп, сегиз саат ўақтымды санап бериўим керек болды. Мен гербиш, бетон плита ҳәм цемент салынған вагонеткаларды күнине сексен цент ушын ийтеретуғын едим. Жүк жүдә аўыр еди. Мен жумыста соншелли шаршайтуғын едим! Жумыс сменасы басланбай-ақ, өзимди шаршаған сезетуғын едим. Меннен тер суў болып ағатуғын еди. Қыста суўық ҳәм муз болып қатып қалған батпақ себепли вагонеткилерди ийтериў еле де аўырырақ еди. Гейде мен бел менен екинши қабатқа цемент ататуғын едим. Мен тек Қудайдан жәрдем етиўди сорап, бәрқулла дуўа етиў себепли ғана тири қалдым. Қудай маған мийрим-шәпәәтин көрсетип, күш беретуғын еди. Төртинши сынақ денеге байланыслы еди. Күйеўимди алып кеткенде, мен отыз тоғыз жаста едим. Ҳүкимет хызметкерлери мени басқа адамға турмысқа шығыўға мәжбүр етиўге тырысты. Егер мен ҳүкиметтиң мәжбүрлегенине көнгенимде, маған жаңа турар мәканға көшип кетиўге рухсат еткен болар еди. Мениң жеке исимди басқаша жазған болар еди ҳәм мениң аўыр жумыста қыйналыўыма ҳәжет жоқ еди. Маған саўға, ақша ҳәм кийим-кеншек алып, ер адамлар келетуғын еди. Ҳәтте, биреўи маған айырылысыў бойынша арза да таярлады. Олар мениң үйимниң қапысын, ҳәтте, түнги ўақытта да қаға беретуғын еди. Мен оларға: «Мен масихыйман. Мен айырылыссам да, және турмысқа шыға алмайман», — дейтуғын едим. Қудай мени соншелли сүйгенликтен, усы барлық сынақларға, азғырыўларға ҳәм тыныш болған қолайлы өмирде жасаў қәлеўине қарсы тура алыў ушын күш берди. Мен ҳәр сапар дуўа еткенимде, Қудай маған өзиме керек болған ҳәмме нәрсени, ҳәтте, сорағанымнан да артық беретуғын еди. Арадан жигирма бир жыл ҳәм сегиз ай өткенде, күйеўимди азат етти. Дерлик жигирма еки жыл — айралық ушын узақ мүддет. Бирақ Қудай бизди усы сынақтан өткизди». САБЫРЛЫЛЫҚ Руўхый урыста ҳүжим усыллары Мухаддес Китап ҳәм дуўа етиў болса, онда олар садықлық ҳәм бойсыныў менен беккемлениўи тийис. Бәрқулла Қудай алдында жүрип, Мухаддес Руўхтың жемислерин бериў ушын, бизлер сабыр-тақат деп аталыўшы қәсийетке ийе болыўымыз зәрүр. Римлилерге жазылған хатта (5:3) елши Павел қыйыншылықлардан сабырлылық, ал сабырлылықтан жақсы минез-қулық пайда болатуғынын айтады. Және де, Павел Римлилерге жазылған хатта биз өз сабырлылығымыз себепли Мухаддес Жазыўдан жубаныш таўып, үмит пенен жасай алатуғынымызды да айтқан еди (Рим. 15:4 ке қараң). Яқып сабырлылық себепли адам жетилисип, минсиз болатуғынын тастыйықлайды (Яқып 1:4 ке қараң). Юхан жазған Аян китабында (3:10) Ийса Филадельфиядағы жәмәәтти Өзиниң сабырлылық пенен шыда деген буйрығын орынлағаны ушын мақтайды. Бул ҳеш нәрсе қылмай, тек «тыныш отырып турыўға» шақырық емес, ал «Ийемиз ҳеш қашан жеңилмейтуғынын анық билип, инталы мийнет етиў» болып табылады. Жеңимпаз — бул ҳеш қашан жеңилмейтуғын адам. Душпан сабырлылыққа бәрқулла қарсы турыўға ҳәрекет етеди ҳәм бул руўхый урыстан соң, күшли шаршаў сезимин туўдырады. Кейин руўхый немқурайдылық яки биз «шегиниў» ямаса «жеңилис» деп атаған жанымыздың белгили жағдайы келеди. Жүдә көп масихыйлар жеңистен бир минут алдын жеңиледи. Джон Беньян (John Bunyan) бул ҳаққында өзиниң «Пилигримниң саяхатлары» китабында сөз етеди. Оның сөз етиўи бойынша, саяхат ақырында, шаршаған жолаўшы Сыйқырланған елге аяқ басып, енди қайтып ҳеш оянбаў ҳәм өз жолын жуўмақламаў ушын сол жерде уйықлап қалады. Қытайдағы бир нәзик туўысқан апамыз аяўсыз қуўдаланған еди. Ол былай деп сөз етеди: «Кеме теңиз қатты толқынланып турғанлықтан ҳәрекет етиўин тоқтата алмайды. Ол өзиниң дурыс бағыт бойынша баратырғанына исенимли болыўы тийис. Бундай сынақларсыз Ийемизге қалай хызмет етиў кереклигин билмеймиз». Өмир усындай кеме сыяқлы. Күшли толқынлар ўақтында, қуўдаланған жәмәәт ағзалары исениўшилер өзин штурвалға беккем байлап қойыўы ҳәм Қудайдың садықлығы менен Оның Ийса Масих арқалы беретуғын мәңгилик сүйиспеншилигине исениўи тийис екенин айтады. Еврейлерге жазылған хаттағы үзинди (10:19–39) усы тақырыптың сүўретлемеси болады. 36-аят усы үзиндидеги тийкарғы аят болып табылады: «Қудайдың қәлеўин орынлап, ўәде етилгенди алыўыңыз ушын, сизлерге сабырлылық керек болады». Бул аяттың азаплар, хорлықлар, қуўдалаўлар, қамақта тутқын болыў ҳәм мал-мүликтиң тартып алыныўы ҳаққында ой-пикирлердиң бир бөлеги екенин атап өтиў қызықлы. Күшли қуўдалаўларға ушыраған ҳәм үлкен қыйыншылықларды бастан кеширген, Кубадағы бир шопаннан: «Усындай аўыр өмир жағдайында ҳәммесин таслап, жеңилгиңиз келмей ме?» — деп сораған екен. Ол күлимсиреп, әпиўайы ғана: «Егер урыслар болмағанда, жеңислер де болмаған болар еди», — деп жуўап берген екен. Күнлердиң биринде, биреў: «Өлтирмеген ҳәмме нәрсе мени беккемлейди», — деген еди. Өткен әсирлердеги биринши елшилердиң сабырлығы болмағанда, қытайлыларда елеге дейин Мухаддес Китап болмаған болар еди. Роберт Моррисон (Robert Morrison) Шотландиядағы кишкене тоқымашы қаланың жарлы аймағында өсип ержетти. Екшемби күнги мектеп муғаллими Ийса ушын баланың жүрегин қазаныў ҳәрекетин тоқтатқан жоқ. Усы муғаллимниң сабырлығы себепли жас Моррисон Ийсаның шәкиртине айланды. Ол Қытайда биринши протестант елши болды ҳәм 1800-жылдың басында Мухаддес Китапты қытай тилине аўдарды. Бирақ ис көп қайғы-тәшиўишлерге толы болды. Толық он алты жыл даўамында, Моррисон қорқынышлы аўҳалда жасады. Оның қытайлы жәрдемшиси Ако қыйнағанда азап шекпеў ушын, өзи менен бирге уў алып жүретуғын еди. Себеби егер оның ким екенин билип қойса, азапланыўы турған гәп еди. Кейин ала Моррисонның мийнети баҳаланып, Ако ол арқалы биринши болып Қудайға келди. Роберт Моррисон дәслеп улынан, кейин ҳаялынан айырылды. Бирақ ол буған да шыдам бере алды. Бүгинги күнде Макаодағы ески протестант қәбирстанында, өз жақынлары қасында болған оның қәбирин көриўге болады. Бүгинги күнде, оның ҳадал сабырлылығы Қытайдағы көплеген ер ҳәм ҳаял туўысқанларымыздың өмиринде жемис бермекте. Дороти Ай Чин (Dorothi Ai Ching) ҳәзирги ўақытта Арқа Америка бойлап саяхат етеди ҳәм ол Ийемизге хызмет етиўден бурын мийнет лагерьлеринде болғаны нәтийжесинде жетилисип барғаны туўралы сөз етеди. Ол жерде Дороти бел менен дәрис жүклейтуғын еди. Дороти мынадай жуўмаққа келди: ол өзиниң аўыр өмиринен алған ең биринши сабақ арқалы Ийемиз сабырлықты ҳүрмет ететуғынын көргизбели түрде көрсетип берди. Басқа қытай исениўшиси Гонконгтағы масихый радио бағдарламасының алып барыўшысына өзиниң өспирим баласы Масихқа деген исеними себепли қуўдалаўларға ушырап атырғаны туўралы жазып жиберди. Усы исениўши өз улына төмендегилерди айтқан еди: «Атанақ ағаш жолы аўыр, бирақ мәңгиликке апаратуғын усы жолда биз сабырлылық көрсетиўимиз тийис». Дж. Дж. Эндрюс (J. J. Andrews) — ғарры лютеран шопаны ҳәм Рангундеги, бурын Бирма деп аталған Мьянмедеги бизиң достымыз хызметке үлкен ғайрат менен қатнас жасады. Бир неше жылдан соң, сары аўырыўдан оның қызы қайтыс болды. Арадан еки ай өткенде, оның ҳаялы жүреги жарылыў себепли қайтыс болды. Ал алты айдан соң, күтилмегенде, оның улларының бири қайтыс болды. Эндрюс өзин жер менен жексен болғандай сезди. Сол ўақыттағы дәўир туўралы еслеп, ол былай дейди: «Мен өзимди Аюп деп сездим. Бирақ жубатыў ушын маған ҳеш ким келмеди». Бул аўҳал туўралы Вер Энрикес, қоңсылас Бангоктағы (Таиланд) жас филиппиялы еситип қалды. Ол туўысқанымыз Эндрюсти көриў ҳәм оған жигер бериў ушын арнаўлы түрде келди. Эндрюс былай дейди: «Өмиримдеги аўыр демлерде маған жәрдем бериўге келгени ушын оған рахмет». Арадан бир неше ай өткенде, туўысқанымыз Эндрюстиң үйи жанында оның ақлықларының өмирге қуўанған күлкилери еситилди. Эндрюс күлим қағып, умытылмайтуғын сабақ ҳаққында: «Қудай маған сабырлылық ушын сый берип, мениң жаралы жүрегимди шыпалады», — дейди. Бир күни бир жәмәәт дийўалында мынадай масихый уранды көрдик: Гейде Қудай даўылды тынышландырады, Бирақ гейде Ол даўылға дабыл қағыўға жол қояды… Ҳәм Өз перзентлерин тынышландырады. ЖИГЕР Сабырлылық — бул даўыл ҳәм дүбелей астында тура алыўымыз ушын, Қудайдың бизге берген мийрими. Қудайдың басқа сыйы — бул жигер болып, ол арқалы биз қыйыншылық ҳәм басымды жеңип өтиў ушын басқаларға жәрдем беремиз. Бир қысқаша тымсалдың мәниси туўралы ойланып көриңлер. Бир күни тоғай арқалы бир неше қурбақа кетип баратырған екен. Күтилмегенде, еки қурбақа терең шуқырға түсип кетипти. Ал қалғанлары шуқырдың қасында тоқтап, қатып қалыпты. Олар досларының тереңликке қулағанын көрип, олардың күни питкенин айтқан екен. Деген менен, еки қурбақа олардың сөзлерине итибар аўдармай, бар күши менен шуқырдан секирип шығыўға ҳәрекет етипти. Қалғанлары оларға ҳәммесиниң пайдасыз екенин айтыўды даўам ете берген екен. Ақырында еки қурбақаның биреўи досларының сөзине қулақ асып, жеңилип қалыпты. Ол жерге жатып, жан тапсырыпты. Бирақ екиншиси қолынан келгенинше секире берипти. Қурбақалар топары және бақыра баслап, оған азап шегиўди тоқтатыўды ҳәм тыныш өлиўди кеңес етипти. Бирақ қурбақа еле де тырбаңлап умтыла берипти ҳәм ақырында шуқырдан шығыпты. Ол шуқырдан шыққанда, басқа қурбақалар оннан: «Сен бизлерди еситтиң бе?» — деп сорағанда, сол қурбақа қулағының онша еситпейтуғынын айтқан екен. Ол досларын өзин ҳәмме ўақытта жигерлендирип тур деп ойлаған екен. Қыйын ўақытлары жигерлендириўши сөз ҳақыйқаттан да адамды көтермелеп, тири қалыўға ҳәм ҳәммесин жеңип шығыўға жәрдем береди. Басқа тәрептен қарағанда, қыйын жағдайларда адамға айтылған қыйратыўшы сөз оны өлтириўи мүмкин. Адамларға айтқан сөзлериңизди ойланып сөйлең. Жолыңызда ушырасқан адамларға өмир сөзлерин айтың. Гейде жигерлендириўши сөз адамды қоллап-қуўатлайтуғынына исениў соншелли қыйын. Бахытсызлықлар менен гүресип атырған адамды соңғы күшлеринен айыратуғын сөзлерди ҳәр бир адам айта алады. Ал оған жигерлендириўши сөзлерди таўып айта алатуғын адам жарылқанған! Бир неше жыл алдын бурынғы америкалы әскерий тутқынлардан: «Сизлердиң руўхыңызды душпанның қайсы усыллары табыслы түрде сөндире алды?» — деп сораған екен. Изертлеўлердиң көрсеткениндей, әскерий тутқынлар физикалық жоқшылық яки азаплаўлар себепли руўхый түскинликке берилмеген. Бирақ бөлек бөлмеде жалғыз болыў ҳәм жийи-жийи бир камерадан екинши камераға көшириў арқалы дослардан бөлекленип қалыў адамды сындырыўы мүмкин. Тағы да, изертлеўшилер әскерлер баслы гезекте өзлери тийисли болған кишкене топарларда бир-бирине деген дослық қатнаслары себепли күшке ерискен. Бул бақлаўлар Ийемизге садық болып қалыўға жәрдем бере алатуғын басқа исениўшилер менен масихыйлардың қарым-қатнас жасаўға не ушын мүтәж екенин терең түсиниўге жәрдем береди. Ҳәтте, бизиң Қудай менен болған қарым-қатнасымыз жүдә тири болса да, ол бизиң руўхый жетискенликке ерисиўимиз ҳәм сабырлыққа үйрениўимиз ушын жеткиликли емес. Руўх пенен бирлескен бир Дене ишиндеги өз ара қарым-қатнаслар бизиң Қутқарыўшыға деген садықлығымызды сақлап қалыўымыз ушын зәрүр болып табылады (Евр. 10:23–25 ке қараң). Мухаддес Китаптың пүткил тексти бойлап Қудайдың хожалығындағы басқа исениўшилерге жигер бериўге деген шақырық қайта-қайта еситиледи. Римлилерге жазылған хаттың 12-бабында Мухаддес Руўхтың сыйлары арасында жигер бериў сыйы да атап өтилген. Кейин Павел Салоникалыларға жазған биринши хатында (5:11) келеси сөзлерди жазған еди: «Сонлықтан ҳәзир ислеп атырғаныңыздай, бир-бириңизди жигерлендирип, бир-бириңиздиң исенимиңизди беккемлей бериңлер». Жигер бериў — бизиң басқаларды қоллап-қуўатлаўымыз ҳәм жубатыўымыз, оларға руўхый ояныўға жәрдем бериўимиз болып табылады. Бизиң ҳәр биримиз бундай жубаныштың шектен тыс зәрүр екенлигин кишипейиллик пенен түсиниўимиз тийис. Үмит — адам руўхы ушын ҳаўа болып табылады. Чак Суиндолл (Chuck Swindoll) Еврейлерге жазылған хаттағы (10:25) «жигер бериў» сөзиниң түбири Юхан жазған Хош Хабардағы Мухаддес Руўхтың исин сүўретлейтуғын сөздиң түбири менен бирдей екенин тастыйықлайды. Автор төмендеги жуўмаққа келген: «Бизлер басқаларға жигер берсек, Мухаддес Руўхтың Қудайдың хожалығына ислейтуғын исине уқсас болған исти орынлаған боламыз». Мухаддес Китап бойынша басқа устаз бул пикирди былай тастыйықлайды: «Жигер ҳәм жубаныш бериў — адамның уллы парызы. Руўхланып турған адамның үстине муздай суў қуйып, оның руўхын сөндириў аңсат. Дүнья басқаларды сындырыўға таяр болған адамларға толы. Бирақ бизиң масихыйлық парызымыз — бир-биримизге жигер бериў. Жаманлық пенен гүресиўде алғыс яки шүкиршилик, миннетдарышлық яки қошаметлеў сөзлери адамға жийи-жийи жәрдем берген». Туўысқанымыз Андрей өз хызметиниң ең басында Шығыс Европа еллериндеги ер туўысқанлар менен сөйлескенде, жигерлендириўши сөзлердиң әҳмийетли екенин түсинген. Олар Андрейге: «Андрей, сениң усы жерге келгениңниң өзи сениң ең жақсы онлаған ўазларыңнан артық», — деген еди. Бүгинги күнде, ол мусылманлар көп жасайтуғын еллер бойлап жүргенде, усы сөзлерди еситеди. Ол жийи-жийи «Ашық есиклер» хызметиниң мағанасы жигерлендириў болып, хызметтиң бул түри ҳәр түрли еллерге қайта-қайта барыў арқалы даўам етип қарым-қатнас қылыў ҳәм хызметшилерди таярлаўда керекли затлар менен тәмийинлеў яки жәрдем бериў арқалы иске асырылады. Бизиң шабарманларымыз Вьетнамның қубла тәрепинде болған бир шопанды барып көрди. Олар вьетнамша сөйлемегенликтен, шопан оларға үлкен гүман менен қарады. Сонда олар Мухаддес Руўхтың басқарыўында келеси нәрселерди иследи. Олар жәмәәтте дизе бүгип, англичан тилинде даўыслап дуўа ете баслады. Вьетнам шопаны да тез арада оларға қосылды. Оның жүзлерин көз жаслары жуўып турған еди. Кейин ала бул шопан олардың келгени қаншелли әҳмийетли болғаны ҳаққында хат жазды. Сол хаттың аўдармасы төмендегише: «Сизлер менен бирге дуўа етиў ҳәм Ийсаның атын алғыслаў мени терең тәсирлендирди. Биз ҳәр түрли тиллерде сөйлесек те, Ийемиздиң сүйиспеншилигинде ҳәм Мухаддес Руўхтың жәрдеминде бир-биримизди түсине аламыз. Сизлердиң бизиң жәмәәтимизге Мухаддес Китапты бериўди қәлейтуғыныңызды билемиз. Биз Ийемизге бизиң мүтәжликлеримиз ҳаққында сизлерге хабарлағаны ушын миннетдаршылық билдиремиз. Ийемиз сизлерге Мухаддес Китапты әкелиўге жәрдем береди. Бизлер Оған усы мүтәжлик ҳаққында айтқан едик ҳәм енди Оннан жуўап күтпектемиз». Қамақта болған масихыйлар ҳаққында айтылған гүрриңлерде бәрқулла жигерлендириў ҳаққында айтылады. Қамақта ямаса лагерьлерде масихыйлар исениўши туўысқанларды ушыратқаны қандай қуўанышлы. Қудайдың еки ямаса үш перзентиниң ўақтын қарым-қатнас қылыў менен өткизиўин билиў қаншелли қуўанышлы. Валентина Савельева елге масихый әдебиятты алып киргени ушын совет лагерьлеринде бес жыл болды. Лагерьде турмыс жағдайлары жүдә аўыр болған. Валентина Қудайдың өз дуўаларына қалай жуўап бергени ҳаққында былай деп гүрриң етеди: «Ийемиз мениң мүтәжлигимди көрди ҳәм Өз мийрим-шәпәәтин берип, маған масихый сиңлимиз Наташаны жиберди. Ийемиз оны маған ең аўыр ўақытта жеңиллик бериў ушын жиберди. Бизлер бирге көп дуўа еттик ҳәм бәрқулла бир-биримизди қоллап-қуўатлап турыўға тырыстық. Бизлер түнде ушырасып, лагерьдиң сыртында, ашық аспан астында дуўа еткенимиз есимде. Бизлер ол жерде көп ўақыт қала алмайтуғын едик. Себеби аязлы ҳаўа райы жийи қырқ градустан да төмен түсип кететуғын еди. Ал бизиң жумыс етиклеримиз бизлерди жылыта алмайтуғын еди. Бизлер бир неше минут қосық айтып, дуўа ететуғын, кейин аз-маз жылынып алыў ушын баракқа қайтып келетуғын ҳәм және көшеде ушырасатуғын едик. Гейде бизлер үнсиз турып, тек аспанға қарайтуғын едик. ўақты-ўақты мен бир нәрсени қәлейтуғын едим: Ийемиз тезлик пенен мени Өзине алса екен. Бирақ Наташа маған жаңа күшлерди беретуғын еди. Ол мениң өмириме күшли ҳәм жақсы тәсир жасады. Мен жийи-жийи Ийемиз оны бул лагерьге мениң ушын жиберген деп ойлайман». Ричард Уормбранд (Richard Warmbrand) Бухарест қамақханасында болған он сегиз ғарры адам ҳаққында сөз етеди. Бул «айналарсыз төле болып, пәтиктен суў тамып туратуғын еди. Суўыққа қатып, өлип қалмаўымыз ушын, ҳәр бир адам алдында турған жолдасына тығылып туратуғын еди. Егер биреў есин жойтып қойса, басқалар оны суўдан шығарып, турыўға мәжбүр ететуғын еди. Жыллылық, қоллап-қуўатлаў ҳәм өмирди, ҳәммесин де биз бир-биримизден алдық». Топардағы сабақлар Исенимди мойынлаў сыпатында төмендегилерди даўыслап оқың: Енди ҳеш қашан қорқпайман. Өйткени «Қудай бизлерге қорқақлық руўхын емес, ал күш, сүйиспеншилик ҳәм салдамлылық руўхын берди» (Тимоф. 2-х. 1:7). Енди өз өмиримде шайтанның үстемлигин сезбеймен. Өйткени «сизлер Қудайдансызлар ҳәм оларды жеңдиңлер. Себеби сизлердеги Мухаддес Руўх дүньядағы руўхтан уллы» (Юхан. 1-х. 4:4). Енди ҳеш қашан өзимде даналық жоқ деп ойламайман. Өйткени «Қудай себепли, Масих Ийса менен қарым-қатнасқа ийемиз. Масих бизлер ушын Қудайдың даналығы болды … (Коринф. 1-х. 1:30). Енди ҳеш қашан өзимди бир нәрсени ислеп билмеймен деп есаплайман. Өйткени «маған күш-қуўат беретуғын Ийса Масих пенен бирге ҳәмме нәрсени ислей аламан» (Филип. 4:13). Енди ҳеш қашан жеңилиске ушырамайман. Өйткени Ол (Қудай) бизлерди бәрқулла Масихтың жеңисиниң салтанатлы жүрисинде жетелеп жүреди…» (Коринф. 2-х. 2:14). Енди ҳеш қашан өзимди ылайықсыз сезбеймен. Өйткени «Қудай бизлердиң гүналарымызды ҳеш қашан гүна ислемеген Масихқа жүкледи. Масих пенен байланысқа ийе болған бизлер Қудай алдында усы арқалы ақландық» (Коринф. 2-х. 5:21). Енди ҳеш қашан өзимди сәтсиз адам деп сезбеймен. Өйткени «булардың ҳәммесиниң үстинен бизлерди сүйетуғын Масих себепли үлкен жеңиске ерисемиз» (Рим. 8:37). Енди ҳеш қашан үмитсиз болмайман. Өйткени «Саған үмит артқаны ушын, пикирин Саған бағышлағанды, толық тынышлықта сақлайсаң» (Ийшая 26:3). Енди ҳеш қашан тәшиўиш шекпеймен. Өйткени Ийса былай деген: «Бул дүньяда қыйыншылық көресизлер, бирақ мәрт болыңлар, Мен дүньяны жеңдим» (Юхан 16:33). Енди ҳеш қашан тынышсызлыққа берилмеймен. Өйткени «Қудай тәртипсизлик Қудайы емес, ал тынышлық Қудайы» (Коринф. 1-х. 14:33) ҳәм «Қудайдың бизлерге берген мийримли сыйларын билиўимиз ушын, бизлер бул дүньяның руўхын емес, ал Қудайдың Руўхын қабыл еттик» (Коринф.1-х. 2:12). Енди ҳеш қашан үмитсиз жағдайымды қайғылы көрмеймен. Өйткени «Жатқаныңда қорқпайсаң, уйықлағаныңда, уйқың тыныш болар. Тосаттан болатуғын апаттан, наҳақлардың басына түсетуғын бәледен қорқпассаң. Жаратқан Ийе сениң сүйенишиң болып, аяқларыңды дузаққа түсиўден сақлайды» (Сулайм. ҳикметл. 3:24–26). Енди ҳеш қашан наразылық билдирмеймен. Өйткени «мен ҳәр қандай жағдайда да барыма қанаат етиўге үйренгенмен» (Филип. 4:11). Енди ҳеш қашан өзимди жалғыз сезбеймен. Өйткени Ийса былай деген: «Минекей, Мен дүньяның ақырына дейин ҳәмме ўақыт сизлер менен бирге боламан» (Матта 28:20). Және де, Ол: «Сени ҳеш қашан таслап кетпеймен, ҳеш қашан қалдырмайман», — деген (Евр. 13:5). Енди ҳеш қашан өзимди бир нәрседен ғәрезли деп сезбеймен. Өйткени «Ийемиз — Руўх. Ийемиздиң Руўхы бар жерде азатлық бар» (Коринф. 2-х. 3:17). Енди ҳеш қашан тәшиўиш ҳәм руўхый түскинликке берилмеймен. Өйткени «барлық ғам-тәшиўишлеримди Оған тапсыраман. Ол бизлерге ғамхорлық қылады» (Петр. 1-х. 5:7). Енди ҳеш қашан өзимде нәлет-ғарғыс бар деп сезбеймен. Өйткени «Масих бизлер ушын нәлетленгенликтен, Қудайдың Ибрайымға берген жарылқаўы Масих Ийса арқалы басқа миллетлерге несип етеди ҳәм бизлер ўәде етилген Мухаддес Руўхты исенимимиз арқалы аламыз. Масих бизлерди Мухаддес Нызамның нәлетинен қутқарды» (Галат. 3:13–14). Енди ҳеш қашан өзимди ҳәлсиз сезбеймен. Өйткени «Жаратқан Ийе өмиримниң қорғаны» (Забур 26:1). Енди ҳеш қашан өзимди айыплы сезбеймен. Өйткени «Масих Ийсаға тийисли болғанларға қарсы енди ҳеш қандай ҳүким жоқ» (Рим. 8:1). Мен Масихтаман ҳәм сонлықтан ҳәр қандай айыплаўдан азатпан. Енди ҳеш қашан мүтәжликти сезбеймен. Өйткени «Қудай сизлердиң ҳәр бир мүтәжлигиңизди Масих Ийса арқалы Өзиниң салтанатлы байлығы менен қандырады» (Филип. 4:19). Енди ҳеш қашан келешектен қорқпайман. Өйткени былай деп жазылған: «„Көз көрип, қулақ еситпеген, адамның ойына кирип те шықпаған нәрселерди Қудай Өзин сүйетуғынлар ушын таярлап қойыпты“. Бирақ, Қудай буны бизлерге Өзиниң Мухаддес Руўхы арқалы ашып берди» (Коринф. 1-х. 2:9–10). Талқылаў ушын сораўлар: 1. Сизиң минезиңиздиң қайсы қәсийетлери сизге исенимде сабырлылық көрсетиўге жәрдем береди? 2. Римлилерге жазылған хатты оқып шығып (15:4), онда айтылғанларды ис жүзинде қалай орынлаўға болатуғынын талқылаң. 3. Сиз басқаларға қалай жәрдем бересиз ҳәм оларды қалай қоллап-қуўатлайсыз? 4. Сизиң қоллап-қуўатлаўыңызға тап ҳәзир мүтәж болған досларыңыз бар ма? 5. Масихый өмирде жигер бериў қаншелли әҳмийетке ийе? 6. Сизде изге қайтыў ямаса жеңилиў бойынша азғырылыў болды ма? 7. Өмириңиздиң қыйын сәтинде өзиңиз алған жубаныш ҳаққында гүўалықты айтып бөлисиң. Он тоғызыншы бап Кеширим бериў ҳәм мийрим Егер сизлерге гүна ислегенлерди кеширсеңлер, аспандағы Әкеңиз де сизлерди кеширеди. Ал егер сизлерге гүна ислегенлерди кеширмесеңлер, Әкеңиз де гүналарыңызды кеширмейди. Матта 6:14–15 1999-жылдың 23-январында 58 жаслы австралиялы баптист елши Грэм Стейнс (Graham Staines) ҳәм оның еки улы көликтиң ишинде тирилей жанып кетти. Орисса штатындағы индеец фундаменталистлериниң индуист топарының ағзалары көликтиң үстине бензин қуйып, оны жағып жиберген еди. Грэм Стейнс отыз жыл даўамында мақаў кесел болғанлар менен бирге ислескен еди. Ҳиндистандағы миллионлаған адамлар Грэм Стейнстиң жесири Глэдис Стейнс телевизиялық көрсетиўде шығып сөйлеген сөзинде өз жақынларын өлтиргенлерди Хош Хабар ушын кеширгенин айтты. Бул ўақыя себепли көп адамлар тәсирленип, көзлерине жас алды. Бир исениўши гүўалық берип: «Ол Ҳиндистандағы көп жыллық елшилик жумысына қарағанда, усы иси арқалы Хош Хабар ушын көп нәрсе иследи», — деген еди. Өлтиргенлерди кеширгиси келетуғынын айта турып, Глэдис кеширим өзин қайғыдан қутқарғанын қосып айтқан еди. Олай болмаса, қайғы оның жүрегинде қалар еди. Қайғылы ўақыя жүз берген ўақыттан баслап, оның үйине адамлар үзликсиз келип, қалайынша масихый болыўға болатуғынын сорайды. * * * Мексикадағы Квидад Хуарес атлы қала ғалаба хабар қуралларында «көз жас қаласы» ҳәм «өлим патшалығы» деп аталған еди. Бирақ 1999-жылдың майында «Өмир 99» деген теңи-тайы жоқ болған фестивальдан соң, ол «тынышлық ҳәм үмит қаласына» айланды. Фестиваль өткизилген ўақытта Масих ҳаққында гүўалық айтқан топарлардың бири айрықша жағдайға түсип қалды. Бул топарда Самюэл атлы жас аўдарыўшы бар еди. Топар ағзалары Самюэлдиң жақында анасы менен қарындасы өлтирилгенин ҳәм олардың қалай өлтирилгенин Самюэл өз көзи менен көргенин тосаттан билип қалды. Самюэл қайғының алдын алмақшы еди, бирақ бул оның қолынан келмеди. Самюэл оларды ким өлтиргенин билетуғынын айтты. Ол өлтирген адамнан өш алыўды қатты қәлеген еди. Бирақ кейин масихый болғанда, оның өмирдеги нәрселерге қатнасы өзгерди. Ол Мухаддес Китапты үйрениў топарын басқаратуғын еди ҳәм топарда жигирма адам бар еди. «Өмир 99» фестивалының соңғы түнинде, ол өзиниң анасы менен қарындасын өлтирген адамның Ийса Масихты қабыл етиў ушын алдыға шыққанын көрди. Самюэл көп адамлар арасынан өтип, оның қолларын қысып, Қудай Патшалығына киргени менен қутлықлады. Самюэл бул адамды кешире алды. * * * Корри тен Боом (Corrie ten Boom) Равенсбрюктың қорқынышларын жийи-жийи еслеп, өз жүрегинде бурынғы нацистлерге деген Қудайдың мийрим-шәпәәтин көрсетиў қыйын екенин түсинетуғын еди. Есаплаўларға қарағанда, тоқсан бес мың ҳаял өлтирилген лагерьде сүйиспеншилик те, кеширим де жоқ еди. Ол қараўыллардың айтып жеткизиў қыйын болған жаўызлығын ҳәм тынбай ислеп туратуғын өлик өртелетуғын ошақтың түтинин умыта алмады. Кейин 1947-жылы Корри Мюнхендеги жәмәәтте шығып сөйледи. Жыйналыс таўсылғанда, ол концлагерьдеги қараўыллардың ишиндеги ең жаўызы болған адамды көрди. Сол адам Корри менен сөйлесиў ушын алдыға шыққан еди. Ол Корриге қолын созды. «Мен масихый болдым. Қудайдың мени барлық жаўыз ислерим ушын кеширгенин билемен. Бирақ сизден де сол сөзлерди еситким келеди. Өтинемен, мени кешириң». Корридиң жүрегинде бир-бирине қарама-қарсы сезимлер гүресер еди. Қудайдың Ийгиликли Руўхы оны кешириўге үгитлеп турған еди. Бирақ қайғы ҳәм жаўызлық руўхы онда бул адамнан терис бурылып кетиў қәлеўин пайда етти. «Ийса, маған жәрдем бере гөр. Мен оған қолымды бере аламан. Мен буны ислей аламан». Олардың қоллары бириккенде, екеўи де көз жаслары арқалы жыллылық ҳәм шыпа келгенин сезди. «Туўысқаным, мен сизди шын жүректен кеширемен», — деди Корри. Кейин ала, ол гүўалық берип, сол күни жүрегине Қудайдың сүйиспеншилигин төккен «Мухаддес Руўхтың күши» екенин айтқан еди. Ийгиликли Руўх және салтанатқа еристи. КЕШИРИМДИ АНЫҚЛАЎ Кеширим бериў — масихыйдың ғәзийнеханасында болған ең қүдиретли қураллардың бири болып табылады. Дүнья қалай кешириўге болатуғынын ҳәм кеширимниң не ушын керек екенин түсинбейди. Кеширим — бир адам басқа адам ушын қасқыр болған дүнья ушын тәбийғый емес. Буннан тысқары, кеширген ўақытта аўырыўды бастан кешириўге туўра келеди. Себеби ҳәр бир усындай ықтыярлы ис артында жарақат ямаса сатқынлық болады. Бирақ кешириўди қәлемеў еле де аўырыў жеткизип, адамларға күшли сезимтал, жәмийетлик ҳәм физикалық зыян береди. Бир азиялы масихый адвокат былай дейди: «Меннен масихыйлық басқа динлерден қандай айырмашылыққа ийе яки масихыйлардың өзи басқа исениўшилерден неси менен айырылады, ҳәмме динлер де бирдей нәрсени үйретпейди ме деп сорағанда, мен бәрқулла: «Бизлерди кешире алыў қәбилети айырып турады», — деймен. Бизден, ҳәтте, кеширим сорамаған жағдайда да, кешириў тийис. Ийса атанақ ағашта айтқан биринши сөзлер мынадай болған еди: «Әке, оларды кешире гөр! Олар не ислеп атырғанын билмейди» (Лука 23:34). Ийсаны атанақ ағашқа шегелеген әскерлер Оннан кеширим сораған жоқ еди. Бирақ Ийса олардың кеширимге мүтәж екенин түсинди. Тек Мухаддес Руўхтың күши менен ғана кеширим бериўге болады. Кеширимде Қудайдың сүйиспеншилиги еле де анығырақ көринеди. Бизлер Қудайға уқсаў ҳәм Оған уқсайтуғынымызды ҳәмме нәрседе көрсетиў ушын шақырылғанбыз. Кеширимниң не екенин түсиниўимиз ушын, кеширмеў дегенниң не екенлигин түсиниўимиз керек. • Кешириў толық ____________ умытыў дегенди аңлатпайды. Терең жарақатлар адам есинен ҳәмме ўақытта да өшип кете бермейди. • Кешириў ____________ жарасыў дегенди аңлатпайды. Жарасыў ушын еки адамның қәлеўи керек болады. Бирақ жәбир көрген тәреп өзин қапа қылған менен жараспай-ақ, оны кешире алады. • Кешириў ____________ бийпәрўалық қылыў дегенди аңлатпайды. Кеширим жаман яки жуўапкершиликсиз қатнасты аңлатпайды. • Кешириў өкпе-гийнели ойларды ____________ өзиңнен қуўыў дегенди аңлатпайды. Керисинше, кеширим бериўши адам өкпе-гийнеге жүдә салдамлы түрде қарайды, оны итибарсыз ҳәм әҳмийетсиз деп есапламайды. • Кешириў ____________ «шыдамлылық» деген гүңгирт түсиник пенен бирдей. Олай болмағанда, жақсы мәнисте биз кеширимди мысқыллаған боламыз. Ал жаман мәнисте өмирдеги үлкен машқалаларды көзимизден жоқ қыламыз. • Кешириў айыплы адамнан оның айыбын алып таслаў ямаса ____________ оны ақлаў дегенди аңлатпайды. Адамды айыплы деп жәриялаў — судьяның иси ҳәм тек судья ғана айыплыны оның ислериниң нәтийжесинен азат ете алады. Мысалы: жаза берилген жағдайда. Кеширим — жеке баслама болып, ол жәбир шеккенди айып сезиминен азат етеди. Мухаддес Жазыў жарым-жарты яки немқурайды кеширимди талап етпейди. Кеширим толық ҳәм жуўмақлаўшы, қапа қылған адамға деген жаман сезимлерсиз, оның менен өз ара қарым-қатнасты тиклеў ҳәм раўажландырыў менен биргеликте болыўы керек. КЕШИРИМНИҢ СЫПАТЛАМАСЫ Мухаддес Китаптағы тәлийматқа сай, кеширимниң минезлемеси төмендегише: 1. Кешириңлер, себеби Қудай сизлерди кеширген Ески Келисимде гүналарды кешириў бойынша көп көрсетпелер бар. Өйткени тек Қудай ғана гүналарды кешире алады. Биз Даўыттың былай дегенин еситемиз: «Барлық айыпларымды кеширетуғын…» (Забур 102:3). Және де, биз адамлар тәрепинен берилген кеширим бойынша да мысалларды көремиз. Егер, ҳәтте, адам өзине жеткизилген қапашылық себепли күшли жәбир көрген болса да, ол кеширген. Мысалы: өзин қуллыққа сатып жиберген ағаларын кеширген Юсуп сыяқлы. Бул иси арқалы Юсуп ҳақыйқый азатлыққа еристи. Ол өзиниң бир улын Менашше, яғный «мени умыттырған» деп атады. Жаңа Келисимде Қудайдың Қозысы болған Ийса бизлердиң гүналарымыз ушын адамлар дүньясына келди. Оның төгилген қаны арқалы барлық гүналарымызға бир рет ҳәм мәңгиликке кеширим ала аламыз. Бул — «мийрим-шәпәәт Хош Хабары». Кеширим — бул сый. Биз оған ылайықлы емеспиз, бирақ Қудай Өзиниң мийрим-шәпәәти себепли набыт болып атырған дүньяға кеширим сыйлайды. Биз кешириўди шешкен адамларға кеширим қандай тәсир жасайтуғыны ҳаққында оқыймыз. Нәтийжеде олар өзлерине қарата айтылған «өз душпанларымызды сүйиў» ҳәм «өзлеримизди қуўдалап атырғанлар ушын дуўа етиў» сыяқлы шақырықты орынлай алады. Бир-бириңизге шыдамлы ҳәм кеширимли болыңлар. Егер ким де ким биреўден өкпели болса, Ийемиздиң сизлерди кеширгени сыяқлы, сизлер де бир-бириңизди кешириңлер (Колоса. 3:13). Солай етип, кеширим исеним себепли исленетуғын ис. Басқа адамды кешире отырып, мен Қудайдың әдиллик талапларын маған қарағанда жақсырақ орынлайтуғынына исенген боламан. Кешире отырып, мен өзимниң усы машқаладан қутылыў ҳуқықымнан пайдаланаман ҳәм барлық машқалаларды шешиўди Қудайға тапсыраман. Мен Қудайдың қолына әдалатлық пенен мийрим-шәпәәтти теңлестиретуғын тәрезини беремен. Бул ҳаққында Филип Янси (Rhilip Yansey) өзиниң What s So Amazing Aboit Grase? атлы китабында Қудайдың таң қаларлық мийрими ҳәм реҳими ҳаққында сөз етеди. 2. Кешириңлер, себеби сизиң келешекте кеширим алыўыңыз усыған байланыслы Бизге басқаларды тек кешириў буйырылмаған. Ал Ийсаның тәлийматы бойынша, бизиң келешекте кеширилиўимиз өзимиздиң өкпе-гийнеге деген қатнасығымызға байланыслы екенин билемиз. Биз жийи Ийемиздиң дуўасы деп атайтуғын дуўада, яғный шәкиртлердиң дуўасында, Ийса басқаларды кеширгенимиз сыяқлы, бизлерди де кешириўди аспандағы Әкемизден сораўды үйретеди. Дуўа етиўден соң, Ийсаның тәлийматының даўамы сыпатында мына бир қызықлы ескертпе келтирилген: Егер сизлерге гүна ислегенлерди кеширсеңлер, аспандағы Әкеңиз де сизлерди кеширеди. Ал егер сизлерге гүна ислегенлерди кеширмесеңлер, Әкеңиз де гүналарыңызды кеширмейди (Матта 6:14–15). Бул шешиўши ҳәм анық тастыйықлаў болып, оны басқаша түсиндириў мүмкин емес. Бизиң келешекте кеширилиўимиз өзимиздиң кеширим бериўге таярлығымызға ҳәм басқа адамларды ҳақыйқаттан кешириў исине туўрыдан-туўры байланыслы. Петр Ийсадан өзине қарсы гүна ислеген туўысқанды неше ретке дейин кешириў кереклигин сорады. Өзин шектен тыс мийримли қылып көрсетиў ушын, Петр жети ретке дейин кешире алатуғынын билдирген шығар. Сонда Ийса ҳәммеге белгили болған ҳәм таң қаларлық жуўапты береди: «Саған жети ретке дейин емес, ал жетпис жердеги жети ретке дейин кеширим ет, деймен» (Матта 18:22). Кейин Ийса өзине реҳим етиўди өтингени себепли көп гүналары кеширилген адам ҳаққында тымсалды айтып берген еди. Бирақ сол адам өзине аз ғана ақша қарыздар болған басқа адамды ушыратып қалып, оған реҳим еткиси ҳәм оны кеширгиси келмеди. Тымсалда патша сол адамды қамаққа таслаўды ҳәм өзиниң үлкен қарызын толық өтеп болмағанша, азаплаўды буйырған еди. Буннан төмендегише жуўмақ келип шығады: «Егер сизлердиң ҳәр бириңиз туўысқаныңыздың гүнасын шын кеўлиңизден кеширмесеңлер, Мениң аспандағы Әкем де сизлерге солай ислейди» (Матта 18:35). 3. Кешириңлер, себеби кеширим бериў шыпа ҳәм руўхый қайта тиклениў алып келеди Ийсаның тәлийматына сай, бизлер масихыйлар сыпатында өзлеримизге жаманлық ислегенлерди кешириўимиз кереклиги бойынша ҳеш қандай гүман болмаўы тийис. Сонда бизиң адам тәбиятына тән болған шекленген ақылымыз бәлент даўыс шығарып, ашыўланып ҳәм наразылық билдирип: «Не ушын? Не себептен?» — дейди. Филип Янси бизиң не ушын кешириўимиз кереклиги бойынша жүдә әҳмийетли үш жуўапты береди. Тек кеширим ғана айыплаў, жәбир, өш алыў ҳәм есесин қайтарыўды қәлеў буғаўларын үзе алады. Жаңа Келисимдеги «кешириў» сөзи сөзбе-сөз «азат болыў, өзин азат етиў, шетке кетиў» дегенди аңлатады. Үзликсиз аўырыўды тоқтатыўдың бирден бир усылы — бул тоқтаў ҳәм кешириўден ибарат. Тек сонда ғана тынышлық ҳәм түсиникти гөзлейтуғын өз ара жаңа қарым-қатнасты баслаўға болады. Рус жазыўшысы Солженицынның пикиринше, биз ҳайўанлардан кешириў қәбилетине ийе болыўымыз арқалы айырылып турады екенбиз. Тек адамлар ғана усы тәбийғый емес исти ислеп, тәбияттың аяўсыз нызамларынан үстин бола алады. Кеширимниң өзинен гөре, гүманлар қыйынырақ болыўы мүмкин. Бир күни муғаллим өз талабаларына сабаққа бос полиэтилен қалталар ҳәм картошка салынған бөлек бир қалта әкелиўди тапсырды. Ҳәр бир талаба картошкаға өзлери кешириўден бас тартқан адамның атын жазыўы ҳәм сол картошканы таза қалтаға салыўы тийис болды. Базы талабалардың қалталары жүдә аўыр болып шықты. Кейин оларға пүткил ҳәпте даўамында усы «кеширилмеген картошкалар» салынған қалталарды алып жүриў, түнде оны қәтиниң қасына қойыў, бир жаққа жол жүрип баратырып, қасындағы орынлыққа қойыў ҳәм жумыста жумыс столы қасына орналастырыў буйырылды. Бир ҳәпте ишинде талабаларға кеширилмеген өкпе-гийнелердиң руўхый жүгин көтерип жүриў қыйын екени анық болды. Олар өз өкпе-гийнелерин кешире алмаў ҳәм умытпаў арқалы көп дыққат аўдаратуғыны мәлим болды. Негизинде картошкалар ақыры ширип, сасық ийис шығарады. Бунда анық метафора көринеди! Бул бизиң аўырыў ҳәм жаманлықтан қутылыўды қәлемеўимиз себепли төлейтуғын қунымыз! Биз жийи кеширимди өзимизди қапа қылған адамға берилген ылайықсыз сый деп есаплаймыз. Ал негизинде бул бизлер ушын да сый болып табылады! Егер айыплы адам бизден кеширим сорамаған болса да, оған берилген кеширим сол адамды қысып турған буғаўларды үзип, оны қыйнаўшы айып сезимин алып таслаўы мүмкин. Өлимнен тирилген Ийса Петрди кеширимниң үш басқышынан өткизди. Бул Петрге қалған пүткил өмири даўамында Қудайдың Улын сатқаны ушын айыплаў сезимисиз жасаўға жол қойды. Кеширим бериўи арқалы кеширим бериўши адам айыпкер менен бирдей дәрежеге ийе болады. Кеширим басқышында биз өзимизге қарсы гүна ислеген адамнан айырмашылыққа ийе емес екенимизди түсинемиз. Биз айыпкер менен бир дәрежеде турамыз. Негизинде, Қудай Өзиниң адам болыўы арқалы бизлер менен бир дәрежеде болды. Қудай Өзи қатты жақсы көрген жаратылысы менен бир нәрсе ислеўи керек болды. Ол жер бетинде бизлердиң арамызда жасап, Өзи гүнасыз болса да, Өз тәжирийбесинде адам болыўдың не екенин түсинди. Бирақ Ол бизлер менен бир қатарға турды. Қудай Гүнасыз болғанды бизиң гүналарымыз ушын жуўапкер қылды. Кеширим жеңимпаздың ҳәм ҳәммесин жеңиўши хызметтеги әскердиң өмиринде тийкарғы нәрсе болып табылады. Бизди «жеңимпаздан да артық қылатуғын» атанақ ағаштың жолы усындай. Камбоджалы жас масихый Чемниң көз алдында, Чем мектептен бери таныйтуғын қызыл кхмерлердиң биреўи оның анасын таяқ пенен сабап, өлтирип таслады. Көп айлар даўамында, Чем бул қайғылы ўақыя ҳаққында еске түсириўлер себепли қатты қыйналды. Бирақ кем-кемнен Ийемиз оған өз үстинен жеңиске ерисиўге жәрдем берди. Арадан он жыл өткенде, Чем Пном-Пенниң баслы көшелери бойлап киятырғанда, өз анасын өлтирген жигитти көрип қалды. Жигит өзине жақынлап киятырған Чемди көрип, оны өш алады деп ойлап, қатты қорқып кетти. Чемниң көзлерине жас айланып кетти ҳәм ол жигитке: «Ийсаның аты менен сени кеширемен», — деди. Сонда Чем Масихта ҳақыйқый азатлыққа еристи. РЕҲИМ ҲӘМ МИЙРИМ Хызметтеги әскерди таярлаў дәрежесин биз ақырына қалдырдық. Ол реҳим ҳәм мийрим көрсетип, масихый өмирде жасаў қәбилети менен белгиленеди. Реҳим көрсетиў — оған ылайықлы емес ҳәм ҳеш қашан ылайықлы болмайтуғын адамға қайырхомлық етип, жақсылық көрсетиў болып табылады. Қудайдан берилген реҳим исленген хызмет себепли бир нәрсени алыўға қарама-қарсы қойылады. Реҳим ҳаққында ҳәр сапар сөз етилгенде, бул сыйдың бир нәрсе ушын берилмегени нәзерде тутылады. Алыўшы ҳеш қашан да алып атырған нәрсесине ылайықлы емес. Реҳим тек бериўшиниң мийрим-шәпәәти себепли ғана көринеди. Буннан тысқары, реҳим пүткиллей ҳәм толық ешейин бериледи. Ҳеш ким ҳеш қашан сизден мийрим-шәпәәт ушын төлем төлеўди сорамайды. Ҳәтте, егер сиз буны қатты қәлеген жағдайда да, ислей алмаған болар едиңиз. Мийрим-шәпәәт бизлерге ешейин ҳәм ҳәр қандай шәртсиз келеди. Бул көбинесе хорланған ҳәм қабыл етилмегенлерге деген ылайықсыз реҳимлилик болып табылады. Масих Өз Патшалығында хызмет еткен адам уллы болатуғынын еслетиў ушын аспаннан келди. Бийлик текшеси жоқарыға қарай көтериледи, ал реҳим текшеси төмен түседи. Доктор Дональд Барнхаус бул туўралы мына жақсы сөзлерди айтқан: «Жоқары қарай бағдарланған сүйиспеншилик сыйыныў деп аталады. Ал сыртқа қаратылған сүйиспеншилик үйрениў, төмен қараған сүйиспеншилик мийрим-шәпәәт деп аталады». Ийса мийрим-шәпәәтли қатнас туўралы үйретти ҳәм қайырхом болып жасады. Елши Юхан Ийсаның даңқы «мийрим ҳәм ҳақыйқатлыққа толы» болғанын айтады (Юхан 1:14). Ийса еки жүзли диний көсемлер тәрепинен қойылатуғын талаплар, қағыйдалар, қарарлар, шәртлер ҳәм күтиўлер дүньясына үйреншиксиз ҳәм күтилмеген түрде келди. Мийрим-шәпәәт ҳәм мийрим ҳаққында пикирлей отырып, елши Юхан былай деп даўам етеди: «Оның толылығынан ҳәммемиз мийрим үстине мийрим алдық» (Юхан 1:16). Юхан ҳәм Ийсаның басқа шәкиртлери көрнекли адамлар болды. Олар Оған уқсас болды. Бул адамлар өмирлерин пүткиллей өзгертип жиберген Ийсаның сабырлылығы, ҳәммесин қабыл етиўи, сүйиспеншилиги, жыллылығы ҳәм қайырхомлығы менен нурланды. Солай етип, реҳим ҳәм мийрим масихыйлықтың дүньяға берген ең жақсы сыйы. Бул күш өш алыў, расизм ҳәм жек көриўшиликтен күшлирек ҳәм қүдиретлирек. Бирақ, тилекке қарсы, реҳим ҳәм мийримге соншелли мүтәж болған дүнья ушын жәмәәт гейде Филип Янси «қарсы мийрим» деп атаўшы қатнаста болады. Чарлз Суиндолл мийримниң усы душпанларын атап өткен еди: • Сырттан келиўши: нызамшылық, өзине исениў, үрп-әдетлер, қәлегенинше басқарыў, әтираптағыларға деген жоқары талап, жаманлық, қадағалаў, жарыс, өзин аяўшылық, қыйқымлық ҳәм басқалардың есабына жасаўға умтылыў. • Иштен шығыўшы: менменлик, күншиллик, қабыл алмаў, ашыныў, кеширим бермеў руўхы, қорғанышсыз болыў, айып ҳәм уят сезими, өсеклер, еки жүзлилик ҳәм басқа көп нәрселер. 1. Қудайдың мийрим-шәпәәти ис жүзинде Мийримнен келетуғын азатлықтан басқа, бизди иштен ҳеш нәрсе де өзгерте алмайды. Бизиң өмиримиздеги Қудайдың мийрим-шәпәәти анық нәтийжелерге ийе. Ким де ким Қудай усынған азатлыққа ийе болса, Қудайдың мийрим-шәпәәти нәтийжесинде өзи ерисетуғын сыйлар ушын миннетдаршылық сезимине ийе болады. Бул — кеширим бериў, өмир, қуўаныш, музыка, сулыўлық ҳәм дослық сыйы. Басқалардың қалай жасап атырғаны бойынша сын ҳәм тәшиўишке аз ўақыт ҳәм күш кетеди. Сиз Қудайдың мийрим-шәпәәти ҳәм азатлығы менен жасап басласаңыз, сизде қыйқымлық анағурлым азаяды. Ҳәтте, егер сиз басқалардың таңлаўын мақулламаған жағдайда да, оларға өзлери дурыс деп есаплағандай жасаўға жол қоясыз. Толық мийримге ийе болған масихый — бул дүньяға ҳәм басқа адамларға «мийрим-шәпәәт көз қарасы» менен қарайтуғын адам болып табылады. Реҳимли адам еле де сабырлы болыўға ҳәм адамларды азырақ ҳүким етиўге қәлеў билдиреди. Сиз өз өмириңиз ушын реҳим ҳәм мийрим алыў менен бәнт болғаныңызда, енди өзиңиз мақулламайтуғын басқа адамларды айыпламайсыз. Қудайдың реҳими менен мийрими жетилисиўге қарай үлкен адымлар атыўға жәрдем береди. Сизиң мийрим ҳаққында түсинигиңиз оянғаны себепли, дүньяңыз да кеңейип барғаны сайын, сиз ержетип, өсип барасыз. Сиз енди ҳеш қашан бурынғы адам болмайсыз! 2. Қудайдың реҳимин қабыл еткиси келмейтуғынлар ушын жәмийеттеги мийрим Қудайды бийкарлайтуғын жәмийетте масихый реҳим ҳәм мийримди қалай тарқата алады? Биз алдынғы бапларда атап өткендей, Илияс үңгирлерде жасырынып жүрди. Басқа тәрептен қарағанда, оның заманласы Абдий Ахабтың сарайында хызмет еткенлер арасында иследи ҳәм наҳақ ҳүкимдар жоқ қылған пайғамбарлардың өмирин сақлап қала алды. Эстер ҳәм Даниелге бутқа табыныўшы патшаларға хызмет етиўге туўра келди. Ийса рим ҳүкимдарының ҳүкимине бойсынды. Павел өз исин Қайсардың қараўына тапсырыўды сорады. Жәмәәт дүнья ушын жүдә әҳмийетли исти ислеўи, яғный оған Қудайдың реҳимин көрсетиўи тийис. Ийса Өзиниң адамларды сүйиўине ҳеш кимниң тосқынлық етиўине жол қоймады. Усы тараўда биз ушын Мухаддес Руўхтың жемиси жүдә әҳмийетли. Ийса бизиң усы тараўда бир айрықша белгиге ийе болыўымыз кереклигин айтқан еди. Яғный, биз қарым-қатнас сиясатында дурыс ис тутып, басқа адамлар үстинен әдеп-икрамлық үстемлигине ийе болмаўымыз, ал оларға деген сүйиспеншиликке ийе болыўымыз тийис. Коринфлилерге жазылған 1-хаттың 13-бабында, Павел бизиң сүйиспеншиликсиз ҳеш нәрсе емес екенлигимизди тастыйықлайды. Мийримниң садықлығы ҳәм адамларға деген мийримли қатнас масихыйлар жердеги ҳүкимет пенен толық келисимли болып жасайды дегенди аңлатпайды. Замбияның бурынғы президенти Кеннет Каунда төмендегилерди жазған еди: «Халыққа сарайда масихый ҳүкимдар емес, ал халық тыңлайтуғын масихый пайғамбар керек». Ийса дүнья Өзин қалай жек көрген болса, бизлерди де солай жек көретуғынын ескерткен еди. Рим империясында болған ерте жәмәәт үлкейип барған сайын, «Ийса Ийемиз» деген уран рим ҳүкиметине қарата туўры шақырық болды. Келиспеўшилик пайда болғанда, батыл масихыйлар мәмлекетке қарсы шығып, аспандағы жоқары бийликке шақырды. Әсирлер даўамында, бирдей жағдай қайталанып келди. Тек масихыйлық ғана қулшылықты тоқтатты. Усы күш жумыс ҳәрекетин, даўысқа ийе болыў бойынша ҳаяллар ҳуқықын, басқа да адам ҳәм пуқаралық ҳуқықларды бағдарлады. Биз ҳәмме нәрседе жылан сыяқлы дана, кептер сыяқлы кишипейил болыўымыз тийис. Бизиң барлық ҳәрекетлеримиз, ҳәтте, қарама-қарсы ҳәрекетлеримиз де мийрим менен жақтыландырылған болыўы керек. Өзимизде реҳимге қарсы қәсийетлер пайда болса, онда биз өз шешимимиз ҳаққында ойланып көриўимиз тийис. Мәмлекет пенен жәмәәт арасындағы жақсы қарым-қатнаслар мәмлекет ушын пайдалы, ал жәмәәт ушын зыянлы. Бул жерде Қудайдың реҳими ҳәм мийрими ушын баслы қәўип жасырылған. Пүткил дүнья бойлап болғаны сыяқлы, мийримге ийе болмаған нызамлар менен басқарылатуғын мәмлекет жәмәәттиң дүнья ушын таярлаған Қудайдың мийрими менен реҳиминиң уллы хабарын кем-кемнен жойтып барады. Мәмлекеттиң тутыныўшы бийлигине қарсы жәмәәт қарсылық күши сыпатында жақсырақ ислейди. Жәмәәт мәмлекет ушын қаншелли «қолайлырақ» болса, оның дүнья ушын арнаған хабары соншелли мағанасыз болады. Қандай да бир ҳүкиметтиң Матта жазған Хош Хабардағы (5–7) Ийсаның ўазына тийкарланған нызамларды қабыл еткенин көз алдыңызға келтире аласыз ба? Ҳүкимет екшемби күнлери дүкән ҳәм театрлардың жумыс ислеўин қадаған етиўи мүмкин. Бирақ ол адамларды Қудайға сыйыныўға мәжбүр ете алмайды. Ол адам өлтиргенлерди тутқын етип, оларды жазалаўы мүмкин. Бирақ ол олардың адамларға деген жек көриўшилигин емлеп, сүйиспеншилик бере алмайды. Ол неке бузылыў бойынша нызамларды қыйынластырыўы мүмкин, бирақ ол күйеўлерди өз ҳаялларын сүйиўге, ал ҳаялларға күйеўлерин ҳүрмет етиўге мәжбүр ете алмайды. Ол жарлыларға жәрдем бериўи мүмкин, бирақ ол байларды жарлыларға мийримли, қайырхом ҳәм әдалатлы болыўға мәжбүр ете алмайды. Ол ерли-зайыплылық бийопалықты қадаған етиўи мүмкин, бирақ ол бузық қәлеў, урлық, биреўге асылыў, жалған ҳәм менменликти қадаған ете алмайды. Ол адамларды адамгершилик ислеўге шақырыўы мүмкин, бирақ олар бул арқалы мухаддес болып қалмайды. Солай етип, жәмәәт жәмәәт болып қалады. Бирақ ол жәмәәт сыпатында сүйиспеншилик, ҳақыйқат ҳәм бирлик пенен, және де, ҳәммесинен де жоқары болған мийрим ҳәм реҳим менен ҳәрекет етсин. Бул ҳәр бир масихый ушын тәсирли жоллама болыўы тийис. 3. Адамларды қалайынша Қудайдың реҳими менен оятыўға болады? Реҳимниң даңқлы азатлығы менен адамларды уйқыдан оятыў ушын, биз қалайынша мийрим-шәпәәтке соншелли толып таса аламыз? Ең алды менен, бул ушын өзимиздиң адамыйлық ҳәлсизлигимизди тән алыўымыз талап етиледи. Басқаша айтқанда, өзимизге толық ҳадаллық пенен: «Мен тек адамман. Мен өзиме өзимди жақсы көрсетиўге тырыспайман», — деўимиз керек. Қудайдың мийрими адамларда усындай тәризде оянады. Және де, бул ушын кишипейил қатнас керек болады. Қудайдың мийрими кишипейилликти үлкен қуўаныш пенен қабыл етеди. Қыйын жоллар менен кишипейиллик көрсетиў ҳеш ким денениң басқарыўында ҳәрекет ете алмайтуғынын ҳәм ҳеш ким өз күши менен жақсы ислерди ислей алмайтуғынын түсиниўге жол қояды. Тек Қудайдың уллы реҳими менен ғана Қудайдың әжайып мийримин көрсете аламыз. Топардағы сабақлар Талқылаў ушын сораўлар: 1. Не ушын кешириў соншелли қыйын? 2. Кеширимниң ҳақыйқый жарылқаўы неден ибарат? 3. Не ушын масихыйдың өмиринде Қудайдың реҳими менен мийрими соншелли әҳмийетли? 4. Өз қәўимиңизде «мийримниң душпанларының» қайсы бирин байқайсыз? 5. Келешекте реҳим ҳәм мийримди қалай көрсетиўди шештиңиз? VI БӨЛИМ Жеңис Жигирмаланшы бап Салтанатлы жеңимпазлар Бирақ Қудайға шүкирлер болсын! Ол бизлерди Ийемиз Ийса Масих арқалы жеңиске еристире береди. Коринфлилерге 1-хат 15:57 Белгили микробиолог Луи Пастердиң кәсиплеси, Парижде жасаўшы шыпакер Феликс Ру болған еди. Усы шыпакердиң ақлық қызы қара дифтериядан қайтыс болды. Доктор Ру ақлық қызын не өлтиргенин анықлаўға ант ишти. Ол өз кәсиплеси Луи Пастер менен биргеликте вирус теориясы тек әпиўайы теория емес екенлигин дәлиллеў ушын, көп айлар даўамында лабораторияға қамалып алды. Шыпакерлер аўқамы Пастердиң мийнетлерин қоллап-қуўатламады ҳәм оны қаладан кетиўге мәжбүр етти. Пастер Париждиң шетине қоныс басты ҳәм сол жерге лаборатория салып, қадаған етилген изертлеўлер менен шуғылланыўды даўам етти. Бир күни тез арада салынған лабораторияға жигирма әжайып атты алып келди. Дағаза етилген тәжирийбени көриўге илимпазлар, шыпакерлер ҳәм мийирбийкелер келди. Ру полат қутыны ашып, үлкен ыдысты шығарды. Ыдыс Рудың өзи узақ ўақыт даўамында инта менен өсирген қара дифтерияның бацилласына толған еди. Ыдыста пүткил Францияны жоқ қылыўға жететуғын микроблар бар еди. Илимпаз ҳәр бир атқа жақынлап барып, оның бекенелерине, тилине, тамағына ҳәм көзлерине өлтириўши бацилла жағып шықты. Бир аттан басқа ҳәмме атлар усы кеселликти жуқтырып, набыт болды. Тәжирийбе барысын бақлап турған адамлардың көпшилик бөлеги соңғы аттың өлиўин күтип турмады. Және бир неше күн даўамында бул ат шөпте немқурайды ҳалында жатып, узаққа созылған кеселлик пенен гүрести. Пастер, Ру ҳәм олардың бир неше жәрдемшиси ат қорадағы жол кәтлеринде уйықлады. Егер ҳайўанның ыссылығы өзгерген жағдайда, илимпазларды белгиленген нәўбетши оятыўы тийис еди. Түнги екилер шамасында, аттың ыссылығы аз-маз түсти ҳәм нәўбетши Руды оятты. Ал азанға келип, ыссылық және еки градусқа түсти. Келеси түнге келип, ыссылық бироталаға түсип, ат орнынан турып, ишип-жей баслады. Кейин доктор Ру темир устасының шөккишин алып, әжайып аттың еки көзи арасына өлимши соққы берди. Илимпаз өлимши кеселлик пенен аўырып, бирақ оны жеңе алған ҳайўанның тамырынан қан алды. Соңынан илимпазлар асығыслық пенен Парижге, муниципаль емлеўханаға жөнеп кетти. Қарама-қарсылықлар менен наразылықларға қарамастан, олар басқарыўшы ҳәм қараўыллардың қасынан өтип, өлим ҳалында, бөлек бөлмеде жатырған үш жүз нәрестениң жанына кирип барды. Олар ҳәр бир нәрестеге аттың қанын шанышты. Нәрестелердиң үшеўинен басқа, қалған барлығы толық тәўир болды. Бул балаларды вирусты жеңген қан аман сақлап қалды. Бизиң Жеңимпазымыздың қаны да көп адамларға руўхый қутқарылыў берди. Басқаларға өмир бериў ушын, Қутқарыўшыға өлиўге туўра келди. ҚУДАЙҒА САДЫҚЛЫҚ Бизлердиң ҳәммемиз қатнасыўшы болған руўхый урыста босаң ҳәм немқурайды болып ҳәрекет етиўимизге болмайды. Заманагөй жәмәәтте бир кемшилик бар. Бул — оның жийи-жийи көште ериншеклик пенен сүйрелип жүретуғын исениўшилер ушын баспанаға айланып баратырғаны болып табылады. Бундай исениўшилер Қудайдың перзентлериниң барлық артықмашылықларын (ўәделер ҳәм жарылқаўлар) алыўды қәлесе де, қуўдалаўлар менен руўхый урыслар ҳаққында еситиўди де қәлемейди. Даўыл ҳәм боранларға төтепки бере алыў ушын, исениўшилер бойсыныўшы, кишипейил ҳәм сақый адамлар болыўы тийис. Тағы да, исениўшилер Қудайдың еркин орынлаўда күшли, батыл ҳәм қайтпас болыў ушын шақырылған. Бизиң дүньямызда ҳәмме коммунистлердиң, революционерлердиң ҳәм мусылманлардың өз исенимлерине садық екенин жақсы биледи. Жаңа ҳүкимдарлық пенен жаңа тәртиптиң орнатылыўына олар өз көз қарасларына сай қаншелли салдамлы қатнаста болатуғыны бойынша да көп мысаллар бизлерге белгили. Өзлеримизди Ийса Масихтың шәкирти деп атаўшы бизлер набыт болып атырған адамзатты Қудайдың Патшалығына мирәт етиўши сүйиспеншилик революциясының бир бөлеги болып табыламыз. Басқа идеология менен динди жәриялаўшыларға қарағанда, бизлердиң өз исимизге деген садықлығымыз азырақ болмаўы керек. Мухаддес Китап Ийсаның шәкиртлерин бәрқулла әскерлер менен салыстырады: «Масих Ийсаның жақсы әскери болып, мениң менен бирге қыйыншылыққа шыда. Хызметдеги әскер өзин әскерликке шақырған әскербасының кеўлинен шығыў ушын, турмыс ислери менен байланбайды» (Тимоф. 2-х. 2:3–4). «Туўысқанлар, мен өзимди усы мақсетке жеттим деп есапламайман. Тек ғана изде қалғанларды естен шығарып, алдындағыларға умтылып атырман. Қудайдың сыйына, Оның Масих Ийса арқалы шақырған аспандағы өмирине ерисиў ушын, мен белгиленген мақсетке жетиўге тырысып атырман» (Филип. 3:13–14). Хош Хабар Қудайдың жарылқаўларына мирәт етиў, және де, Қудайдың еркине садықлық пенен бойсыныўға шақырық болып табылады. Лука жазған Хош Хабарда (9:23) Ийса Өзиниң шәкиртлерине қарата сөйлеген сөзинде, олардың Масихқа өзлерин бағышлаўында үш тийкарды айырып айтты: Сонда Ийса ҳәммеге былай деди: «Ким де ким Маған ергиси келсе, өзинен кешсин ҳәм ҳәр күни атанақ ағашын арқалап, Мениң изиме ерсин». 1. Садықлық еки тәреплеме болыўы керек Бағышланғанлар ҳәм Қудай арасындағы өз ара қарым-қатнас «ким де ким Маған ергиси келсе» деген сөзлер арқалы көринеди. Бизде Ийсаға келип, Оның шәкирти болыў қәлеўи бар. Биз Оның менен ҳақыйқый қарым-қатнасқа ийе болғымыз келеди. Бирақ усы қарым-қатнастың түбири неде? Бизде Қудайға усына алатуғындай, ҳеш қандай жақсы нәрсе жоқ. Бирақ Қудайдың Өзи бизлерге Өзин бағышлаған. Оның Өзи басламаны Өз қолына алып, Оған бағышланыўымыз арқалы жуўап бериўге мүмкиншилик жаратты. Биз Қудайдың садықлығын Оның жаратылысында көремиз. Ол адамды Өзине уқсатып, Өзиндей қылып жаратты. Биз Оның исенимли ҳәм садық екенин, Оның адам қулағаннан кейин, бизлердиң ислеримизге араласыўы арқалы көремиз. Қудайдың қутқарыў жобасы, Оның қутқарыўының пүткил тарийхы Ийса Масихтың келиўи арқалы анық күшке енди. Қудайдың бизлерге деген садықлығын минсиз сүйиспеншилик деген еки сөз бенен билдириўге болады. Қудайдың сүйиспеншилиги Өзиниң жалғыз Улын аямай, бизлерди қутқарыў ушын, Оны атанақ ағашта азап шегиўге тапсырды. Буннан тысқары, Ийса жер бетинде болды ҳәм Ол баслама көтерди. Шәкиртлик ҳәм бағышланыўдың ҳақыйқаттан не екенин түсинбей турып, Оған хызмет етиўди қәлеген адамлар пайда болғанда, Ийса оларды Өз жуўаплары менен таң қалдырды: «Ийса дөгерегине жыйналған көп халықты көргенде, шәкиртлерине теңиздиң арғы жағасына өтиўди буйырды. Сонда бир диний муғаллим келип, Оған: «Устаз, Сен қаяққа барсаң да, мен Саған еремен», — деди. Ийса оған: «Түлкилердиң инлери, аспандағы қуслардың уялары бар. Бирақ Адам Улының бас паналайтуғын орны да жоқ», — деди. Және бир шәкирти Оған: «Ийем, дәслеп барып, әкемди жерлеўиме рухсат ет», — деди. Бирақ Ийса оған: «Маған ер. Өз өлгенлерин жерлеўди өлилерге қалдыр», — деди (Матта 8:18–22). Бизиң Қудай менен болған қарым-қатнасымыздың барлық тараўлары усыннан ибарат. Бул қарым-қатнаслар шегарасында биз Ийсаға ериўди қәлеймиз. Себеби Қудай биринши болып Өзин бизлерге бағышлады ҳәм бизлерди изине ериўге шақырды. Оның өзимизге деген сүйиспеншилиги менен реҳимин басынан кеширген бизлер Оған садықлық пенен жуўап бериўди қәлеймиз. 2. Садықлық өз ара исенимди нәзерде тутады Белгили ҳақыйқатлар тийкарында, еки тәреп арасында анық өз ара қарым-қатнаслар белгиленген. Енди адамлар қабыл етилген шәртнамалар менен байланысқанын дәлиллеў ушын ҳақыйқый дәлиллер керек. Бул жағдайда исеним иске кирисип, ол бир тәрептиң екинши тәрепке деген исениминде көринеди. Лука жазған Хош Хабардан келтирилген сөзлерде усы бағышланыўды сәўлелендириўши сөзлерди көремиз. Олар: «өзинен кешип» ҳәм «өз атанақ ағашын арқалап» деген сөзлер. «Өзинен кешип» Бизиң садықлығымыз бир нәрселерге арзыйды. «Өзинен кешип» деген сөз сөзбе-сөз «өзиңе „яқ“ деп айт яки «өзиңнен ўаз кеш» дегенди аңлатады. Дыққат қаратыңлар, Мухаддес Китаптағы бағышланыўдың тийкарғы ойы хызметтеги әскерди «өзин умытыўға» емес, ал «өзинен кешиўге» шақырады. Бул жерде қандай да бир сыртқы нәрседен емес, ал өз «мен» имизди қанаатландырыўдан толық ҳәм пүткиллей ўаз кешиў ҳаққында сөз етиледи. Бунда адам тек өзи ушын жасайтуғын әпиўайы жағдай менен қарама-қарсылықты көриўге болады. Адамның гүнакар тәбияты ҳәмме жерде, капиталистлик ямаса коммунистлик дүзилис болыўына қарамастан, бирдей болады. Адам, ҳәтте, басқалардың есабынан өз қәлеўлерин қанаатландырыўды қәлейди. Ийса Өз шәкиртлерин басқалардың оларды өзинен кешиў қәбилети бойынша билетуғынын айтады. «Өз атанақ ағашыңды алып» Ийсаның буйрығының екинши бөлими бизге еле де көбирек талапларды қояды. Ийсаға бағышланыўымызда, биз өз өмиримизди қурбан етиўге таяр болыў дәрежесине дейин өзимизден кешиўимиз керек! Биз өз өмиримиздиң бәри бир де өлим менен жуўмақланатуғынын ҳәм бизди тек кеширим ҳәм мәңгилик өмирди ўәде еткен Қудай ғана қутқара алатуғынын түсингенде ғана, өз өмиримизди бериўге таяр боламыз. Исениўши адам Ийса Масих арқалы ҳақыйқый өмирге еристи. Сонлықтан өз-өзинен кешиў ҳәм атанақ ағаш жолы исениўши адам ушын жалғыз ақыллы қәдемлер болып табылады. Жақында Масихты қабыл еткен бир жас жигит үйине қайтып киятыр еди. Масихый болғаны ушын, оған ўатанында өлим жазасы берилетуғын еди. Оннан үйиңе барыўға қорқасаң ба деп сорағанда, ол: «Мен әлле қашан Масихта өлгенмен!» — деп жуўап берди. Эквадорда азапланып өлтирилген елши Джим Элиотт (Jim Elliott) төмендеги сөзлерди айтқан еди: «Жойтыўға болмайтуғын нәрсеге ерисиў ушын, сақлап болмайтуғын нәрсени беретуғын адамды ақылсыз деп атаўға болмайды». Солай етип, Павел былай деген еди: Мен Масих пенен бирге атанақ ағашқа шегеленгенмен. Енди жасап атырған мен емес, ал менде Масих жасап атыр. Ҳәзир денеде жасап атырған өмиримде мени сүйген ҳәм мен ушын Өзин қурбан еткен Қудайдың Улына деген исенимим менен жасап атырман (Галат. 2:20). 3. Садықлық Уллы тапсырманы орынлаўды нәзерде тутады Қудай ҳәм Оның жолын тутыўшылар арасындағы исенимли қарым-қатнаслар исениўшини миннетли ўазыйпаларды орынлаўға алып келеди. Бул миннетли ўазыйпа Қудайдың жолын ҳақыйқаттан тутыўшыларға тән болып, ол: «Мениң изиме ер», — деген сөзлерден ибарат. Бул жерде исениўши миннетли ўазыйпаға емес, ал Оған садықлық көрсетеди. Ийсаның жолын тутыў — демек, бул Оның шәкирти болыў. Шәкирт — Устаздың тәлийматын орынлап, Оннан үлги алыўшы адам. Устаз бизди қандай мәселени орынлаў ушын шақырған? Бул мәселени биз Уллы тапсырма деп атаймыз. Сонда Ийса олардың қасына келип: «Маған аспанда да, жерде де пүткил бийлик берилген. Сонлықтан да барып, барлық миллетлерди Маған шәкирт қылыңлар: оларды Әкениң, Улдың ҳәм Мухаддес Руўхтың аты менен шомылдырып, Мениң сизлерге буйырғанларымның ҳәмммесин орынлаўды оларға үйретиңлер. Минекей, Мен дүньяның ақырына дейин ҳәмме ўақыт сизлер менен бирге боламан (Матта 28:18–20). Масихыйдың ўазыйпасы бул — Ийса Масихтың хызметтеги әскери болып, Ийса Масихтың хабарын жәриялаў ҳәм басқаларға Ийса Масихтың избасарлары болыўға жәрдем бериўден ибарат. Биз ҳүкиметлерди ҳәм душпан идеологияларын қулатыў ушын емес, ал Ийсаның шәкиртлерин тәрбиялаў ушын шақырылғанбыз. Қудайдың бийлигине бойсыныў барысында бизде ҳүким сүрип турған ҳүкимет пенен келиспеўшилик болыўы мүмкин. Биз тәртипли пуқаралар болыў ушын шақырылғанбыз. Тарийх масихыйлардың әдетте нызамға бойсыныўшы ҳәм мийнеткеш адамлар екенин дәлилледи. Бирақ келиспеўшилик пайда болғанда, масихый ҳүкиметке деген қатнастағы пуқаралық садықлығына қарағанда, Масихқа деген садықлығын биринши орынға қояды (Ел. ислери 4:19–20). ЖЕҢИСТИҢ СЫРЛАРЫ Қаслық жағдайында ҳәм қуўдалаўлар ўақтында, Масихтағы ылайықлы өмирдиң төрт сыры бар. 1. Биринши сыр — бәрқулла атанақ ағаш Бул Қудайдың жолы. Юхан жазған Аян китабында оқығанымыздай, Қозы тахтқа отырғызылған (5:6; 17:14; 19:7–10). Сол сыяқлы, бизиң өмиримиздеги атанақ ағаш белгиси бизге ҳақыйқый жеңис алып келеди. Коринфлилерге жазылған 2-хатта (1:9) Павел өзи ушын берилетуғын өлим жазасын өлимди жеңиў қуралы сыпатында екенин айтады. Биз Қудайға өз мал-мүлкимизди, келешегимизди, жақынларымызды, ҳәтте, өз өмиримизди бере алсақ ғана, азат болып, ҳақыйқый жеңимпаз бола аламыз. 2. Екинши сыр — өлимнен тирилиў контекстиндеги өмир Коринфлилерге жазылған 1-хатта (15:19) Павел егер өлимнен тирилиў болмаса, масихыйлардың ең бахытсыз адамлар болатуғынын жазады. Не ушын? Өйткени биз тек өлимнен тирилген Ийемизге деген исенимимиз арқалы ғана ақлана аламыз. Биз Масих ушын жердеги өмирдиң келешегинен ўаз кешип, бул дүньяның азғырылыўларына қарсы турамыз. Бизиң азатлығымыздың толылығы өзимизден кешиў, өз атанақ ағашымызды алып, Масихқа ериўден ибарат. Сонлықтан өз өмиримизде атанақ ағаштың бийнеси менен жасаўымыз тийис. Жазалаў тәртибине ийе еллерде ҳүкимет исениўшилерди қорқытып, кейин ала оларға күшли соққы бериў ушын, олардың ҳәлсиз жерлерин табыўға тырысады. Исениўшиниң жүрегинде Масих пенен бирге атанақ ағашқа шегеленбеген ҳәмме нәрсе масихыйдың ҳәлсиз жери болып табылады. 3. Үшинши сыр — қуўдалаўларды қабыл етиў ҳәм оларға дурыс қатнаста болыў Бирақ Жаратқан Ийеге үмит байлағанлар жаңадан күш алады. Олар бүркит киби қанат жаяды. Жуўырса да, шаршамайды, жортса да, ҳеш талықпайды (Ийшая 40:31). Бүркит даўылдың жақынлағанын ол басланбастан көп ўақыт бурын биледи. Ол бийик жерге көтерилип ушып, самал турыўын күтеди. Даўыл басланғанда, бүркит сондай қолайлы орынды таңлап алғанлықтан, самал оны қақшып алады ҳәм ол даўыл үстинде болады. Төменде даўыл қутырып турғанда, бүркит оның үстинде ушып жүреди. Ол даўылдан қашыўға ҳәрекет етпейди. Ол тек дүбелей самалды жоқарыға көтерилиў ушын пайдаланады. Бүркит даўыл пайда еткен самалдың күши менен көтериледи. Даўыл самаллары басымызға түскенде, биз өз ақылымыз бенен исенимимизди Қудайды тыңлаўға бағдарлап, даўыл үстинен көтериле аламыз. Даўыллар бизлерди сындыра алмаўы керек. Биз Қудайдың күшине өзимизди алып, даўылдан жоқары көтериўине жол қойыўымыз тийис. Қудай өмиримизге кеселликлер, қайғылар, жеңилислер ҳәм түңилиўлер алып келетуғын дүбелей самаллардың үстинде ушып жүриўимизге мүмкиншилик береди. Биз дүбелейлердиң үстинен ушып жүре аламыз. Есте сақлаңлар, бизиң еңсемизди ғам-тәшиўишлер жүги ҳәм аўырманлық емес, ал усы жүк пенен аўырманлыққа қалай қатнаста болыўымыз басады. Бизиң турақлылығымыздың сыры машқалалардың жоқлығы ҳәм гүлленбеў емес, ал қуўдалаўларды даналық пенен қабыл етиў болып табылады. «Масихтың аты ушын масқараланып атырған болсаңыз, сизлер бахытлысызлар! Себеби Қудайдың уллы Руўхы үстиңизде болады» (Петр. 1-х. 4:14). Коринфлилерге жазылған 1-ши ҳәм 2-хатта Павел өзиниң Масихтағы өмири ҳаққында сөз етеди. Бул тынышлық, үнлеслик, қолайлық ҳәм даңқ-атақ емес, ал қыйыншылық ҳәм жоқшылыққа толы өмир, қабыл етилмеў, ҳәтте, руўхый түскинлик болып табылады. Солай болса да, Павел ылай ыдыс бола турып, адамларға Ийса Масихтың хабарын апарып, саўаш майданынан жеңис пенен шығады. Усы жағдайларға сай минез-қулқымызды қаншелли тезирек қәлиплестирсек, соншелли тезирек жеңимпаз болып шығамыз. Сол сыяқлы, биз бир-биримизге тезирек дене бойынша емес, ал Ийсадағы жаңа жаратылыс, Ийсаның аспандағы даңқы көриниўи ушын арналған ҳәлсиз ылай ыдыслар сыпатында қатнас жасаўға үйренсек, тезирек жеңиске ерисемиз. Сонлықтан биз гүллениў Хош Хабарын жәриялаймыз. Биз ҳақыйқый атанақ ағашта жеңиске ерисетуғын Қудайды ҳәм Оның төмендеги сөзлерди айтқан ҳәмме нәрсени жеңиўши Улын жәриялаймыз: «Хызметши хожасынан уллы емес. Егер адамлар Мени қуўдаласа, сизлерди де қуўдалайды. Бул дүньяда қыйыншылық көресизлер, бирақ мәрт болыңлар, Мен дүньяны жеңдим» (Юхан 15:20; 16:33). 4. Төртинши сыр — хызметтеги әскердиң ийелейтуғын орны Матта жазған Хош Хабардағы (5–7) Таўдағы ўазда айтылғандай, атанақ ағаш исениўшиниң минез-қулқынан белги береди. Масихыйдың минез-қулқының барлық қәсийетлери әдеп-икрамлық мөлшерлери ҳәм бул дүньяның әпиўайы минез-қулқы менен әсиресе гүрес жағдайында өткир қарама-қарсылыққа ийе. Әпиўайы әскердиң жүрегинде қайырхомлық, тыныш дөретиўшилик ҳәм кеширимге орын жоқ. Бирақ руўхый урыста масихый әскердиң усы қәсийетлери себепли, ол айрықша мүмкиншиликке ийе. Бизлер хызметтеги әскер сыпатында сүйиспеншиликтиң, қуўаныштың, тынышлықтың ҳәм өзимизди қурбан етиўдиң руўхый қуралын пайдалансақ ғана жеңиске ерисемиз. Бизиң қолланбамыздың ең басында, қолланбаның масихыйлар дүньяда еле де күшли душпанлыққа ушырайды деген исеним тийкарында жазылғанын айтқан едик. Биз бул ҳаққында Матта жазған Хош Хабардың 24-бабында ҳәм Марк жазған Хош Хабардың 13-бабында жазылған деп есаплаймыз. Және де, биз бул сынақларға ақыл, руўхый ҳәм тәжирийбе көз қарасынан таяр болғымыз келетуғынын да айтқан едик. Бизге ақыл тәрептен таярлық керек болады. Өйткени жәмәәт әсиресе қуўдалаўлар менен қайғы бойынша Мухаддес Китаптың нени үйрететуғынын түсиниўи тийис. Биз руўхый жақтан да таяр болыўымыз тийис. Өйткени жәмәәт дуўа еткенде, ораза тутқанда ҳәм руўхый тараўдағы саўашлардың әҳмийетин тастыйықлайтуғын басқа ислер ислегенде қатнасыўымыз керек. Бизге тәжирийбе бойынша таярлық керек. Өйткени жәмәәт исениўшилердиң кишкене топарларының ушырасыўы ҳәм қарым-қатнас жасаўы ушын жағдай жаратып бериўи керек. Бул олардың исеним мәселесинде өзлерин келисимге келгендей сезбеўи мақсетинде исленеди. Исениўши адамның үйин масихый ис, гүўалық ҳәм сыйыныў орайы деп қараў керек. Биз душпанлыққа қалай қатнас жасаўымыз тийис екенлигин билиўимиз керек. Биз Масихтың жолы менен баратырмыз: Ол Өзин пәс тутты ҳәм өлимге, ҳәтте, атанақ ағаштағы өлимге барып, Қудайға бойсынды. Сонлықтан да, Қудай Оны ең бийик мәртебеге еристирди ҳәм Оған барлық атлардан жоқары туратуғын атты берди. Солай етип, Ийсаның аты аталғанда, аспандағылардың, жердегилердиң ҳәм жердиң астындағылардың барлығы дизе бүгип, Қудай Әкениң уллыланыўы ушын, ҳәмме Ийса Масихты Ийемиз деп ашық мойынлайды (Филип. 2:8–11). Ийса Масих тек адамларға хызмет етиўде емес, ал өлимнен тирилиўдеги мәңгилик өмирде де биринши болғанын биле отырып, биз усы жол менен жүриўге шақырылғанбыз. Бизден басқа, ҳеш бир халық усылай жасаў бойынша рухсатқа ийе емес. Жәмәәттиң қуўдаланып атырған ағзалары усындай өмир тәризин қабыл етиўди үйренген. Ҳәмме жерде өзлеримизди Сүйгенниң жәрдеминде жеңе алыўымыз ушын, олар өзлериниң изине жетип алыўға, олар менен бирге қәдем таслап жүриўге ҳәм жеңимпаздан да артық болыўға шақырады. Аяўсыз қуўдалаўларға қарамастан, мыңлаған масихыйлар Ийемиз алдында беккем тура алды. Бирақ басқа мыңлағанлары исеним ушын тура алмады. Ҳәтте, уллы рим қуўдалаўлары ўақтында Ийсаға исениўши аз-маз адамлар ғана Ийемизге ақырына дейин садық болып қала алды. XX әсирде жәмәәт тарийхының өткен әсирлерине қарағанда масихыйлар көбирек азап шекти. Не себептен айырым масихыйлар беккем тура алады? Себеби олар хызметтеги әскер болыўға үйренген, дүбелей ҳәм даўыллар ўақтында беккем болып қала алған. Хызметтеги әскерлер шеге сыяқлы. Оларды қаншелли күшлирек урсаңыз, олар исенимге соншелли күшлирек беккемленип барады. Хызметтеги әскерлер резина топлар сыяқлы. Оларды еденге қаншелли күшлирек урсаңыз, олар соншелли бийигирек ушады! Хызметтеги әскерлер гүллер сыяқлы. Оларды қаншелли күшлирек езсеңиз, олардың хош ийиси соншелли күшлирек шығады. Хызметтеги әскерлер айна сыяқлы. Олардың ҳақыйқый сулыўлығы жарқыраған нурда көринеди. Хызметтеги әскерлер қалташалы шай сыяқлы. Шайдың қаншелли күшли шығатуғынын, оны тек ыссы суўға салғаннан кейин ғана билиўге болады! Сиз де хызметтеги әскер бола аласыз! Сонда сиз ҳәр қандай дүбелей ҳәм даўылға төтепки бере аласыз! «Кишкене балалар топары америка футболын ойнады. Балалар бес-алты жаслар шамасында болса да, олар ҳақыйкый ойын ойнады. Олар еки командаға бөлинди, олардың өз тренери, формасы ҳәм ышқыпазлары бар еди. Биринши команда күши жағынан екинши командаға салыстырғанда шама менен бирдей еди. Биринши бөлимде ҳеш ким бир гол да урған жоқ. Балалар қуўанышлы еди. Олар жүдә ебетейсиз ойнады. Олар жығылды, сүрникти, топты нышананың қапталына тепти. Бирақ булардың ҳәммеси оларды ҳеш тәшиўишке салмаған сыяқлы еди. Олар ойынның өзинен үлкен қанаатланыў алды. Екинши бөлимде биринши команданың тренери дерлик пүткил команданы өзгертип, майданға күшли ойыншыларды шығарды. Енди ойын қыйын түске енди. Екинши команда биринши команданың дәрўазасын қорғаған кишкене баланың әтирапына жәмленди. Ол күшли спортшы еди. Бирақ оған өзинен күшли болған үш ямаса төрт балаға тең келиў қыйын болды. Екинши команда гол ура баслады. Жалғыз дәрўазаман қолынан келген ҳәмме нәрсени иследи. Топ дәрўазаға кирип кетпеўи ушын, ол өзин тезлик пенен ушып киятырған топқа қарай таслады. Екинши команда қатарына еки рет гол урды. Дәслеп бала қәҳәрленди. Ол қатты қышқырып, жуўырып, өз дәрўазасына кирип баратырған топтың изинен қорқпастан қуўып барды. Шешиўши сәтте, ол пүткил күшин жыйнап, қолында тобы бар баланы тоқтатыў ушын өзин атты. Бирақ сол бала тобын өзинен алты жүз сантиметрдей қашықлықта турған басқа биреўге берди. Сол ўақытқа келип, дәрўазаман жаңа орынға өте алғанда, топ дәрўаза ишинде еди. Дәрўазаман кешикти. Дәрўазаманның ата-анасы шырайлы ҳәм әдепли адамлар еди. Баланың әкеси ойынға туўры кеңседен келсе керек, себеби ол ис костюмин кийген болып, мойнына галстук тағып алған еди. Ата-анасы улына жигер берип, бақырып отырды. Үшинши голдан кейин, бала өзгерди. Ол қарсылық көрсетиў пайдасыз екенин түсинди. Яқ, ол жеңилген жоқ, ал түскинликке түсти. Оның жүзинен ҳәлсизлик көринип тур еди. Оның әкеси де өзгерди. Алдын ол бәрқулла улына жигер ҳәм кеңес берип тур еди. Ал енди ол албыраған болып көринди. Ол ҳәмме ўақытта улына ҳәммеси жайында, тек өз исиңди даўам етиўиң керек деп айтыўға ҳәрекет етти. Әкесине улына қараў қыйын болды. Төртинши голдан кейин, балаға жүдә жәрдем керек болды. Бирақ жәрдем жоқ еди. Ол тордан топты шығарып алды да, оны арбитрға берип, жылап жиберди. Ол тек дәрўазада турған болып, еки жүзин көз жаслары жуўар еди. Кейин, ол дизерлеп жығылды да, мушлары менен көзлерин уўқалай баслады. Бала жараланған жүректиң ҳәлсиз көз жасларын төгип, жылай берди. Бала дизерлеп жығылғанда, әкеси баласына жуўырып барыў ушын орнынан ушын турды. Ҳаялы оны жеңинен тартып: «Джим, керек емес. Оған қолайсыз болады», — деди. Бирақ әке қолын тартып алып, майданға жуўырып шықты. Ойын толық басланып кеткен болса да, ол дәрўазаға қарай жуўырды. Костюмде, галстукта ол балаға қарай жуўырып, ҳәмме оны өзиниң улы екенин көриў ушын, баланы қолларына қақшып алды. Ол баланы қушақлап, баўырына басты ҳәм оған қосылып жылап жиберди. Кейин әке улын қолларына көтерип, майданнан алып шықты. Шетке шығарып, улына: — Скотти, мен сениң менен қатты мақтанышлыман. Сен жүдә жақсы ойнадың. Ҳәммениң сениң мениң улым екениңди көргенин қәлеймен, — деди. Бала жыламсырап: — Әке, мен ҳеш нәрсе ислей алмадым. Мен жүдә тырыстым, соншелли тырысқан едим, бирақ олар бәрқулла гол ура берди, — деди. — Скотти, олардың неше гол урғаны әҳмийетли емес. Сен мениң улымсаң, мен сениң менен мақтанаман. Ал енди, сениң және майданға шығып, ойынды жуўмақлағаныңды қәлеймен. Мен билемен, сен ҳәммесин таслап кеткиң келип тур, бирақ бундай болмайды. Және саған гол урса да, бул әҳмийетли емес. Қәнекей, енди бара ғой, — деди әкеси. Енди ҳәммеси басқаша болды. Сен жалғыз болсаң ҳәм сениң дәрўазаңа бәрқулла топ ушып кирип турса, бул голлардың өзиңди жақсы көретуғынлар ушын ҳеш нәрсе емес екенлигин билиў жүдә әҳмийетли. Бала және еки гол урылған дәрўазаға қарай жеңил жуўырып кетти. Бирақ бул сапар ҳәммеси жайында еди. Маған ҳәр күни гол урады. Мен соншелли тырысаман. Мен жан ҳалатта бир мүйештен екинши мүйешке өзимди ураман. Мен қәҳәрленемен ҳәм түңилемен. Мен азғырылыўлар менен гүресемен ҳәм өз денемниң ҳәр бир қуўысы менен гүна ислеймен, ал шайтан мысқыллап күледи. Ол келеси голды урғанда, көз жасларым ағып, мен гүнакар, айыпкер ҳәм ҳәлсиз ҳалда дизе бүгемен. Бирақ мен жалғыз емеспен. Пүткил майдан бойлап, маған Әкем жуўырып киятыр ҳәм мениң үстимнен ўаҳалап, мысқыллап күлген пүткил дүнья алдында мени көтерип, қатты қушақлайды да: — Улым, Мен сениң менен сондай мақтанышлыман. Сен жақсы ойнадың! Ҳәммениң сениң Мениң улым екениңди билиўин қәлеймен. Бул ойынның жуўмағын Мен шештим, сонлықтан Мен сени жеңимпаз деп жәриялайман!» — дейди. Гүрриңниң авторы белгисиз МЕН МАСИХТА КИММЕН? Мен қабыл етилдим … Мен — Қудайдың перзентимен (Юхан 1:12); Мен — Масихтың достыман (Юхан 15:15); Мен ақланғанман (Рим. 5:1); Мен Ийемиз бенен қосылғанман, мен Оның менен бир руўхпан (Коринф. 1-х. 6:17); Мен ушын бийбаҳа төлем төленип, сатып алынғанман, сонлықтан Қудайға тийислимен (Коринф. 1-х. 6:19–20); Мен — Масихтың денесиниң мүшесимен (Коринф. 1-х. 12:27); Мен Қудай тәрепинен таңлап алынып, Ол тәрепинен асырап алынғанман (Ефес. 1:3–8); Мен қутқарылғанман ҳәм мениң барлық гүналарым кеширилген (Колоса. 1:13–14); Мен Масихта толылыққа ийемен (Колоса. 2:9–10); Мен мийрим тахтына Ийса Масих арқалы туўры бара аламан (Евр 4:14–16). Мен қорғалғанман … Мен ҳәр қандай айыплаўдан азатпан (Рим. 8:1–2); Мен исенемен, Қудай ҳәммесин мен ушын жақсылыққа айландырады (Рим. 8:28); Мен өзиме қарсы қойылған ҳәр қандай айыплаўдан азатпан ҳәм мени Қудайдың сүйиспеншилигинен айырыў мүмкин емес (Рим. 8:31–39); Қудай мени беккемлеп, хызметке тайынлады ҳәм Мухаддес Руўх пенен мөрлеп тамға басты (Коринф. 2-х. 1:21–22); Мен Масих пенен бирге Қудайда жасырылғанман (Колоса 3:1–4); Мен исенемен, Қудай менде Өзи баслаған жақсы исти жуўмақлайды (Филип. 1:6); Мениң мәканым аспанда (Филип. 3:20); Қудай маған қорқақлық руўхын емес, ал күш, сүйиспеншилик ҳәм пәклик руўхын берди (Тимоф. 2-х. 1:7). Мен Қудайдан туўылдым ҳәм шайтан маған қол тийгизе алмайды (Юхан. 1-х. 5:18). Мен қымбатлыман … Мен — ҳақыйқый жүзим ағашы болған Ийса Масихтың шақасыман (Юхан 15:5); Мен таңлап алынғанман ҳәм жемис бериў ушын арналғанман (Юхан 15:16); Мен — Қудайдың ибадатханасыман (Коринф. 1-х. 3:16); Мен адамларды Қудай менен жарастырыў ушын хызмет етемен (Коринф. 2-х. 5:17–21); Мени Ийса Масих аспанда отырғызған (Ефес. 2:6); Мен — Оның жаратылысыман (Ефес. 2:10); Мен Оған еркин ҳәм исенимли түрде жақынлай аламан (Ефес. 3:12); Маған күш-қуўат беретуғын Ийса Масих пенен бирге ҳәмме нәрсени ислей аламан (Филип. 4:1). («Масихтағы азатлық» хызметиниң мағлыўматлары бойынша) VII БӨЛИМ Қосымшалар 1-қосымша «Даўылға төтепки бериў» атлы оқыў қолланбасы бойынша бир ҳәм төрт күнлик семинарларды өткизиўге арналған жол-жорықлар Бул оқыў қолланбасының мағлыўматлары төрт күн (кейин даўам етилетуғын жигирма сабақлар) даўамында семинар өткизиўге арналған. Оннан да қысқарақ ўақыт даўамында семинарлар өткизиў ушын келеси жобадан пайдаланса болады: Бир күнлик семинарлар Кирисиў 1–4, 20 баплар Еки күнлик семинарлар Кирисиў 1–4, 8, 13–15, 17, 20 баплар Үш күнлик семинарлар Кирисиў 1–4, 8–17, 20 баплар Төрт күнлик семинарлар Кирисиў 1–20 баплар Қосымша: Барлық мағлыўматты үш күнлик семинарда қысқаша баянлап бериўге болады. 2-қосымша «Қудай ҳәм Оның азап шегип атырған жәмәәти» атлы ўаз Бул ўаз Қытайдағы бир үй жәмәәти шопаны тәрепинен таярланған еди. Онда шопан жәмәәт жетекшилери Қудайдың халқы Оның ерки бойынша бастан кеширип атырған қуўдалаўларда тек азапты ғана көрмеўи кереклигин ескертеди. Ҳақыйқаттан да, Қудай қуўдалаўларға жол қояды, бирақ Ол қуўдалаўларды Өз халқы ушын жақсылыққа айландырады. Рәсмий жәмәәт жетекшилери халықаралық жәмийетшиликке берип атырған мағлыўматларға қарамастан, Қытайда ҳәзирге дейин масихыйларға қарсы қуўдалаўлар болмақта. Сонлықтан мен бүгин Эстердиң заманында исениўшилердиң қәўиминиң басына түскен қуўдалаўлардан алыў мүмкин болған сабақларға сизиң дыққатыңызды қаратқым келеди. Эстер б. эрамыздың 483-жылынан баслап Персия патшасының ҳаялы болды. Бирақ онда асырап алған әкесинен басқа ҳеш ким билмейтуғын бир сыр бар. Эстер өз миллетин, өзиниң еврей екенин жасырған еди. Қуўдалаўлар ўақты келди. Эстер китабынан (3:8) Персия патшасының кеңесгөйиниң өз ҳүкимдарына былай дегенин билемиз: «Патшалығыңыздағы барлық ўәлаятлардағы халықлар арасына жайылып, тарап кеткен бир халық бар. Олардың нызамлары басқа барлық халықлардың нызамларынан өзгеше болып, олар патшамыздың нызамларына бойсынбайды. Оларды өз билдигинше қалдырыў патшамыздың мәртебесине зыян жеткизеди». Патша кеңесгөйиниң сөзлерине келисим берип, барлық еврейлерди жоқ қылыўды буйырды. Еврейлер, соның ишинде Эстер де түскинликке түсти. Олар бундай жағдайға қалай түскенин, оннан қалай шыққанын ҳәм кейин не болғанын, улыўма усы ўақыялар ҳаққында гүрриңлер бизге өзлеримиз тийисли болған жәмәәтти еслетеди. Қуўдалаўлар қаяқтан келеди? Олардың тийкары неде? Эстер китабы усы сораўларға анық жуўап береди. Қуўдалаўлар — бул бизди қуўдалаўларшылардың менменлигиниң нәтийжеси болып табылады. Патшаның кеңесгөйи Ҳаман жоқарыда сөз етилген қуўдалаўларды баслаған ҳәм олардың айыпкери болған еди. Ол өзин хорланған сезди. Себеби Мардохей атлы бир еврей оған бас ийиўден бас тартқан еди. Мардохей не ушын Ҳаманға ҳүрметсизлик көрсеткенин биз билмеймиз. Бизге басқасы әҳмийетли: Ҳаман ашыўға минген еди. Мардохейдиң өзинен ғана қутылыўға ҳәрекет етиўдиң орнына, хорланған Ҳаман өзи көрген хорлық ушын еврейлерди жоқ қылыў менен жуўап бериўге қарар етти. Ҳәмме ис жеке менменликке байланыслы болса да, ол пүткил еврейлерден қутылыўдың жобасын ислеп шықты. Өйткени олар патшаның нызамын бузған қусайды. Ҳаман ҳәммесин жақсылап жобаластырып қойды. Оның айтыўы бойынша, еврейлер бизлерден айырмашылыққа ийе екен. Бул ҳақыйқат. Олар бизлерден қатты парық қылады ҳәм олардың арасында адамгершиликли адамлар да бар, деп қосып қояды ол. Бул да өтирик емес. Бирақ патша өзинен басқаға садықлық көрсеткен ҳәр бир адамға гүман менен қарайтуғын еди. Усы нәрсе Қытайда да жүз бермекте. Бизди ҳүкиметимиз қуўдаламақта, себеби бизлер халықтың тийкарғы бөлегинен парық қыламыз. Бизлер ҳадал исениўшилермиз ҳәм бизлер тек өз мәмлекетимизге садықлық көрсетпеймиз. Бул бизди әтирапымыздағы адамлар ушын гүманлы адамлар қылады. Ленинниң ағасын патша ҳүкимети атып таслағаны себепли, Россиядағы жәмәәтлер қорқынышлы қуўдалаўларды бастан кеширгени ҳаққында оқыған едим. Ленинде өз ағасының өлтирилгенин православ руўханийи мақуллағаны себепли наразылық пайда болды. Сонлықтан ол өзиниң өш алыў сезимин жәмәәтке қаратты. Биз өз елимизде хорланған менменликтиң қурбаны ролин ойнаўды даўам етпектемиз. Егер масихыйлар гүлленип атырған болса, демек, оларда бир лийкин болыўы мүмкин. Коммунистлер адамлардың динге деген талабы өз-өзинен жоқ болып кетиўи ушын жер бетинде жәннет дүзбекши болды. Расында да, егер сен әлле қашан жәнетте болсаң, аспан туўралы әрманлаўдың неге кереги бар? Бирақ коммунистлердиң ҳеш бири де жер бетинде жәнәәт дүзе алмады ҳәм сонлықтан олар аспандағы жәннет ҳаққында жәриялаўшы бизлерди қатты жек көреди. Бул — менменлик. Азаплар тийкары бәрқулла адамның менменлигинде жайласқан. Қуўдалаўлар мәселесин қалай шешиўге болады? Қуўдалаўлар ўақтында қалай аман қалыўға болады? Жәмәәт аталарының бири бул сораўларға былай деп жуўап берди: «Дуўа етиңлер, себеби ҳәммеси Қудайдың қолында. Ҳәр бир қәдемиңизди Қудай басқарып турғандай болып ҳәрекет етиң». Солай етип, биз қуўдалаўларды жеңилллетиў яки азайтыў ушын, оларға қарсы турамыз. Бирақ, және де, биз өзимиздиң азапларымызды тоқтатыўы ушын Қудайды излеймиз. Усы ҳәрекетлер нәтийжесинде, азат болыў келеди. Эстер ҳаққында гүрриңде ўақыяның усылай раўажланыўын көриўимизге болады. Эстер патшаның алдына шақырылмай турып барыўы арқалы батыллық көрсетти. Ол: «Егер маған өлиўге туўра келсе, өлемен», — деген еди. Қандай батыл ҳаял! Ол тапқырлық қылып, Ҳаманды дузаққа түсире алатуғын жобаны ислеп шықты. Эстер зыяпат ислеп, өзиниң сырын ашты ҳәм кейин Ҳаманды өзин өлтиргиси келген адам сыпатында әшкаралады. Оның жобасы иске аспай қалыўы мүмкин бе еди? Ким биледи? Аўа, мүмкин еди. Ҳаман патшаның абырайлы кеңесгөйи болып, сарайда үлкен ҳүрмет-иззетке ийе болды. Ал Эстер патшаның ҳаялы болды, бирақ бул китапта сөз етилиўинше, патшаның ҳаялын қәлеген ўақытта басқасы менен аўмастырыўға болатуғын еди. Қудайға Эстердиң жобасының иске асыўы мақул келетуғын еди. Келиңлер, енди бул ўақыяға басқа тәрептен қарайық. Биз Қудайдың ислеримизге араласыўы ушын қайта-қайта дуўа ете беремиз. Бизиң жағдайларымызда өзимизден көп нәрселер шешилмейтуғын ўақытлар болады. Бизиң жобаларымыз, тапқырлығымыз, батыллығымыз, улыўма усылардың ҳәммеси де жеткиликли болмайды. Бизге Қудайдың жәрдеми керек болады. Сонлықтан еврейлер ушын көз жас төгиў ҳәм тәўбе етиў ўақты келди (Эстер 4:1–3 ке қараң). Сонда Қудай олардың тәғдирине таң қаларлық тәризде араласты. Бир ғарры шопан маған бәрқулла былай дейтуғын еди: «Мен өзим дуўа етиўди тоқтатқанымда, тосаттан болатуғын бахытлы ўақыялар бирден тоқтап қалады». Эстердиң ўақыясының бахытлы жуўмақланыўы тосаттан болған нәрселерге бай. Мысалы: Ҳаман Мардохей өледи деп шамалағанда, патша Мардохейди мәртебели қылады. Бирақ қаҳарманлардың ҳәр бири бир-биринен ғәзрезсиз ҳалда жуўмаққа жақынлап барады. Патшаны мысал қылып алайық. Ҳаман өз жобасын иске асырмақшы күнниң қарсаңында, патшаны күтилмегенде уйқысызлық қыйнайды. Ол күтилмегенде өз жазбаларын оқый баслайды ҳәм күтилмегенде Мардохей ислеген жақсылық туўралы оқып қалады. Патша ертеңине, Ҳаман оның алдына кирген ўақытта, Мардохейди сыйлықлаўға қарар еткен еди. Әйне сол ўақытта Ҳаман патшадан Мардохейдиң басын сорамақшы еди. Патша Ҳаман менен Эстер арасында болып өткенлерди надурыс түсинип, өз кеңесгөйин өлимге буйырмақшы болды. Өйткени ол Ҳаман Эстерден реҳим етиўди өтинип турғанда, оны Эстерди зорламақшы болып атыр деп ойлады. Бул барлық күтилмеген ҳәм дус келген нәрселердиң ҳәммеси — Қудайдың иси. Бул — Қудайдың Эстерге берген жәрдеми. Солай етип, еврейлерди жоқ қылыў жобасы иске аспай қалды. Бизде, яғный Қытайда жийи-жийи мынадай пикирди еситиўге болатуғынын айтып өтиўим керек: «Қуўғынларды Қудай жибереди ҳәм бизлер оларға ҳеш қашан қарсы шықпаўымыз ямаса олардан қашып кетпеўимиз тийис. Ал оларды тек жәмәәттиң өсип барыў исинде Қудайдың басқарыўы деп қабыл етиў керек» Бул жалған тәлиймат болғанлықтан, сол тәризде биз Қудайды гүнада айыплаймыз. Қуўдалаўлар — бул жаманлық. Ал Қудай ҳеш қашан жаманлық тийкары бола алмайды. Қудай жаманлықты қоллана алады, бирақ Оның Өзи жаманлық тийкары бола алмайды. Айырым муғаллимлер егер жәмәәтти қуўдаламаса, ол өспей қалады, деп есаплайды. Бул — жалған. Лука Елшилердиң ислери китабында (9:31) төмендегилерди айтады: «Солай етип, пүткил Яҳудия, Галила ҳәм Самария бойлап исениўшилер тынышлыққа еристи. Ийемизден қорқып жасаған жәмәәт беккемленип, Мухаддес Руўхтың қоллап-қуўатлаўы менен саны өсе берди». Бул жерде қуўдалаў туўралы бирде бир сөз жоқ. Солай болса да, жәмәәт саны өсип бара берген. Мен Эстер китабының сегизинши бап пенен жуўамақланғанын қәлемеген болар едим. Деген менен, ол және даўам етеди. Китап еврейлердиң ҳәмме жерде өз душпанларынан өш алғаны менен жуўмақланады. Олар улыўма террордан азат болыўды жәриялаған еди. Оларға бир күн ишинде өзлерине бир ўақытлары зулымлық қылғанлардың ҳәммесин жазасыз өлтириўге рухсат етилген еди. Мүмкин, сол күни мыңлаған адамлар өлген шығар. Еврейлер аяўсыз әдалатлықты иске асырды. Бирақ жаўызлық нени шеше алады? Ол тек өлген адамлардың жақынларында жек көриўшилик пайда етеди ҳәм олар өз балаларын өш алыўға үйретеди. Сол тәризде қан төгиспек даўам етеди. Мен бул тарийхый ўақыяларды азап шегип атырған заманагөй жәмәәтке тийисли қылар едим. Қуўдалаўлар жағдайында, түскинлик пайда болыўы, егер сақ болмасақ, түскинлик жаўызлыққа айланып кетиўи мүмкин. Еле есимде, бир күни Қытайда мен бир ҳүкимет хызметкери менен сөйлескен едим. Ол маған былай деди: «Билесиз бе, масихыйлар менен жумыс алып барыў жүдә аңсат. Өйткени сизлер бир-бириңизди тас боран қыласызлар». Бир жәмәәт жетекшисин басқа үй жәмәәтлериниң жетекшилери ҳүкимет ўәкиллеринен де жаўызырақ қуўдалағаны ушын, мен уяламан. Бул қайғылы. Биз бул гүна ушын тәўбе етиўимиз тийис. Қуўдалаўлар өзлери менен бирге машқалалар алып келеди. Сол машқалалар бизиң бир-биримизге деген сүйиспеншилигимизди ҳәм ҳақыйқатқа деген садықлығымызды бузады. Не ушын Эстер китабын Мухаддес Китапқа киргизген? Себеби ол Қудайдың Өз халқына жәрдем ететуғыны ҳаққында сөз етеди. Егер патшаның қарары күшке енгенде, Холокост пайда болып, Қудайдың ерки орынланбаған болар еди. Бирақ Қудай бул қайғылы ўақыяның жүз бериўине жол қоймады. Ол апаттың алдын алыў ушын, еврейлерге Өзиниң қүдиретли қолын созды. Қудайдың Өз перзентлериниң тәғдирине араласатуғыны ҳаққында гүрриң бизиң исенимимизди беккемлегени сыяқлы, еврей халқының исенимин де күшли түрде беккемлеген шығар. Қудай адамларды қутқарыў ҳәм Өз еркин орынлаў ушын араласады. Қудай бизиң Оны ҳәм Оның сүйиспеншилигин билиўимизди қәлейди. Солай етип, ҳәмме нәрсеге қүдиретли Қудайдың Өз халқын қутқарып, Өз еркин иске асырып атырғанын көргенимизде, қуўдалаўлар бизиң исенимизди беккемлей алыўы мүмкин. Ақырында, өзим ҳаққында гүрриң етип бериўге рухсат етиң. Мен өзин Қудай ушын пайдасыз деп санаған бир адам арқалы Қудайға келген жалғыз адам едим. Бизлер бирге қамақта отырған едик. Мениң устазым қамақта масихый болды ҳәм ол Хош Хабар исениўшиси болыўды қатты қәлейтуғын еди. Бизлер екеўимиз де биреўдиң үйин бузып кирип, урлық ислегенимиз себепли жаза өтемекте едик. Бизлер бир камерада отырдық ҳәм онда бизлерден басқа ҳеш ким жоқ еди. Ол маған күтилмегенде масихыйлар топары менен бир камераға түсип қалғанын айтып берди. Масихыйлар түнлерде алғыс қосықлар айтып, биргеликте Қудайды алғыслаған. Ол масихыйларды «минези бос илекерлер» деп санап, оларға келген азық-аўқатты урлайтуғын еди. Ҳәтте, камерада ким хожайын екенин көрсетиў ушын, ол масихыйларды сабайтуғын да болған. Бул оған жағатуғын еди. Он бес жыл ишинде биринши рет ол өзин күшли сезди. Ҳәтте, ол масихыйларды урып, олардың азық-аўқатын урлағанда да, олар үстинен бийликке ийе емес екенин түсинетуғын еди. Негедур, олар оннан қорқпайтуғын еди. Бир күни ол қатты қәҳәрленип, масихыйлардың биреўин өлтириў ушын пышақ шығарды. Бирақ күтилмегенде, қандай да бир күш оны тоқтатты ҳәм ол сол адамның жүрегине пышақ суға алмады. Ол биринши рет өзи менен салыстырып болмайтуғын қүдиретли күшке дус келди ҳәм буның не екенин түсине алмады. Ол Масихты қабыл етти ҳәм сонда қамақхана басшылары оны отырғызыўға болмайтуғын камераға отырғызғанын түсинип, басқасына көширди. Оны жалғыз қамап қойды. Ол өзин өлип баратырғандай сезди. Ол Қудай менен сөйлесип, Оннан: «О Қудай, өлип кетпесимнен бурын, Сениң күшиң ҳәм сүйиспеншилигиң туўралы биреўге гүўалық бериўге мүмкиншилик жаратып бер», — деп жалбарынды. Бир ўақытлары қамақхана толы болғанлықтан, мени оның қасына отырғызды. Мен оның өзин жүдә жаман сезип атырғанын дәрриў-ақ түсиндим. Ол дерлик ес-түсин билмейтуғын еди. Ол мени өзине қарай еңкейиўимди сорап, қол былғап шақырды. Сол күни түни ол маған Ийса, Оның мени сүйетуғыны ҳәм мениң қутқарылыўымды қәлейтуғыны ҳаққында айтып берди. Мен азанда оянғанымда, қоңсым сәррийип қатып қалған еди. Мен оны ақылдан алжыған деп ойладым. Сол күни-ақ қараўыллар мени қатал тәртипли лагерьге көширетуғынын айтты. Мени лагерьге апарып таслаўы керек болған жүк көлиги бир ҳәптеге кешиккенликтен, мен масихыйлар толы болған басқа камераға түсип қалдым. Олар маған Хош Хабар айтқан адамның тарийхын айтып берди ҳәм оның өлими алдынан маған гүўалық бергенин билгенде, жүдә қуўанды. Лагерьге кетиўден алдынғы күнде мен өз жүрегимди Масихқа тапсырдым. Өлип баратырған адамның өмирин тек исеним ғана сақлаған еди. Өйткени ол өлиўден алдын, Масих ҳаққында гүўалық бериўди қәлеген еди. Исеним қамақ ўақтында масихыйларға қуўаныш бағышлады. Ол маған өзимди күтип турған сегиз жыллық сүргин жумыслары туўралы ойлағанымда, үмит беретуғын еди. Егер Масих болмағанда, мен әлле қашан өлип қалған болар едим. Биз өз исенимимиз себепли емес, ал Қудайдың өзимизди азаплардан қутқарып атырғанын көрип, күшлирек боламыз. Биз күшлирек болып барыўымыз керек, олай болмаса, набыт боламыз. 3-қосымша Стив Хаас. Қуўдалаўларға ушыраған жәмәәтке бүгин ийса не деген болар еди? Жек көрилген, қамаққа қамалған, зорлық көрген, азап шеккен ҳәм қуўдаланған жәмәәт периштесине! Бул сениң сабырлылығыңды, шыдамлылығыңды билиўши, сениң бахытсызлықларыңды түсиниўши ҳәм сен сыяқлы, Өз садықлығын Өзиниң бийбаҳа қанын төгиўи арқалы Көрсеткенниң сөзлери. Сен өз халқыңның көпшилик бөлегинен бөлекленип қалғаныңды ҳәм ҳеш ким сениң жағдайыңды түсинбейтуғынын айтасаң. Мен сениң басыңа түскен қорқынышлы нәрселерди, сен Лаоста, Индонезияда, Қытайда ушыраған соққыларды көрип турман. Мен Иранда, Ҳиндистанда ҳәм Чечняда сениң шопанларыңды қуўдалап, өлтирип атырғанын көрип турман. Мен Суданда пүткил аўылларды бомба менен жарып, қуллыққа апарып атырғанын да көрип турман. Мен сен төккен көз жастың ҳәр бир тамшысын есаплап шықтым, сениң ҳәр бир әрманыңды ҳәм өзиң айтқан ҳәр бир дуўаңды жазып қойдым. Сениң барлық азапларыңда Мен бәрқулла сениң менен биргемен. Мен сени таслап кеткен жоқпан. Сениң азап ҳәм қыйыншылықларың менен таныс болмаған Мениң көп балаларым сениң Мен ушын берген ийгиликли қурбанлықларыңнан үмит ҳәм күш алса керек. Мен сен шеккен азапларды Масихтағы ер ҳәм ҳаял туўысқанларыңа ашып бердим ҳәм мыңлаған жәмәәтлерди сен ушын дуўа етиўге ҳәм саған хызмет етиўге шақырдым. Сен қорқаман дейсең. Өзиңде бар болған ҳәм сеннен тартып алыў мүмкин емес нәрсеге ийе екениңди тән ал. Мен саған жаңа өмир, айтып жеткизиў қыйын болған қуўаныш ҳәм өзиң менен мәңгиге бирге болатуғын Мухаддес Руўхты бердим. Сениң Маған деген жаңалаўшы исенимиң жол, ҳақыйқат ҳәм өмирди шынынан излеўшилердиң ҳәммесин Маған тартыўшы дабыл шырасы болып хызмет етеди. Сен үмитиңди жойтып атырғаныңды айтасаң. Бирақ бил, бул апатшылықлар — соңғы сөз емес, Мен — қүдирети күшли ҳәм әдалатлы Қудайман. Мен Өзим белгилеген ўақытта ҳәммеси ушын қайтараман. Бул азаплардың ҳәммеси сени жеңбекши болғандай болып көринсе де, Мен сен ушын мәңги тынышлық орын, қайта тиклеў ҳәм ҳақыйқый азатлық болған мәңгилик мухаддес жерди таярлап қойдым. Сен оған Мени Ийем деп тән алғаныңда ҳәм Маған Патша деп хызмет еткениңде ерисесең. Мен сениң менен дүньяның ақырына дейин бирге боламан. Шеттен келетуғынлардан, жәмәәт устазы нықабы артында жасырынатуғынлардан, бирақ өз рәҳәтин Маған бойсыныўдан үстин қоятуғынлардан сақ бол. Көплер өзлерин исенимниң руўхый устазлары қылып көрсетип, исениўшилердиң тек ден-саўлық ҳәм қәўипсизликти талап етиў кереклигин жәриялайды. Оларды тыңлама. Бул жалған тәлиймат болып, сени Сықмарлық ҳәм Қәтер деп аталыўшы ғалма-ғаллық хожайынының тутқыны қылады. Өзиңниң барлық азапларың арасында саған тек Мен ғана ҳақыйқый тынышлық ҳәм қутқарылыў көшкиси екенлигимди дәлиллеймен. Жаныңда болған, исенимде жетиспеген, жалған көз қарасларға ийе, Мениң сөзиме қарсы турған, Мениң ҳақыйқатымның бир пүтинлигинен тек қутқарылыў тийкарларын суўырып алып жәриялайтуғынлардан сақ бол. Олардың зорға билинетуғын жалған тәлийматы саў бийдай арасындағы жаман шөп сыяқлы, исениўшилердиң қарым-қатнасын ипласлап, көплерди жолдан шығарады. Олар сол адамларды мәңгиликке ерисиў ушын Меннен басқа жоллар бар екенине исениўге көндиреди. Мениң сөзлеримди билиўге ҳәрекет ет ҳәм Мениң сүйиспеншиликке тийкарланған буйрықларымды сиңдирип бар. Апатшылық жағдайларында сениң тапқырлығыңа, азапларда адамгершилигиңе, бахытсызлықларда қуўанышлы сабырлылығыңа қуўанаман. Усы қәсийетлер барлық дүнья патшалықларынан артық болған Мениң күшимниң ҳақыйқый гүўалығы. Тек оларда ғана ҳәр қандай адамыйлық күшти жеңе алыўшы садықлықтың тийкары жасырылған. Садық болып қал ҳәм Мен сени мәртебели қыламан. Сабырлы бол ҳәм өзиңды тыйып бил. Өйткени Мен иркилмеймен ҳәм тез арада Өз исимди иске асыраман. Стив Хаас (Steve Haas), «Қуўдаланып атырған жәмәәт ушын дуўа етиў» хызметиниң президенти, Инглвуд, Колорадо, США. «Ҳәзирги заман масихыйлығы», 1999-жыл, октябрь айы. 4-қосымша Радикал масихыйлық боб муэрхед тиң «орны менен айтылған сөзлер» атлы китабынан үзинди Радикал масихыйлық — бул ақылдың дүзилиси емес, ал өмир тәризи. Ол жасырыныўға емес, ал жеңиўге тырысады. Ол қурбан болып көриниўге тырыспайды, ал қурбан етилген өмирде жасайды. Ол көп сөзлер менен тәсир қалдырыўға умтылмай, салтанатлы жеңисте адым атады. Бул көзаба жеделлик пенен ақланбайтуғын, ал ҳақыйқый ислерди есапқа алатуғын масихыйлық. Ол машқалалар тереңлигине кирип барады ҳәм келисимге келмейди. Радикал масихыйлық пәтти пәсейтпей, толық тезлик пенен бармақта. Ол бәрқулла батыл ҳәрекет етеди ҳәм ҳеш қашан сақ болмайды! Ол таўларды ысырады, теңизлерди кесип өтеди, дийўалларды қыйратады, суў үстинде жүреди, теңизди тынышландырады, өлилерди тирилтеди, бес мың адамды тойдырады ҳәм жабық қапы арқалы киреди. Радикал масихыйлық тез-тез азап шегеди, тез-тез жоқарыда ушып жүреди, ҳәр күни тер төгип мийнет етеди. Ол гүнаны қара, дозақты от көли, еки жүзлиликти жаманлық, шайтанды өтирикши ҳәм ҳүкимди сөзсиз болады дейди. Радикал масихыйлық өзине қарсы болған шаўқымлы ҳәрекет пенен келисимге келмейди, күшли басым астында ийилмейди. Сын себепли қалтырамайды, ўақыт өтиўи менен ағармайды, қамақта набыт болмайды ҳәм ығаллық себепли ширимейди. Ол артқа шегинбейди, ўаз кешпейди, пикирин өзгертпейди, изге қайтпайды ҳәм түп-тамырынан өзгермейди. Радикал масихыйлық Масихты бәрқулла жоқарыға көтереди, тосқынлықларды бузады, ҳәр қандай иркиништы басып өтеди, үмитсизликти жеңеди ҳәм уятсызлықты жоқ қылады. Ол сыншыллықты күш пенен жеңеди, жеңилистен үстем болады ҳәм скептицизмди қыйратады. Радикал масихыйлық сақыйлық пенен береди, шаршамай дуўа етеди, мол қылып сыйлайды, ғайрат пенен жумыс ислейди, сүйиспеншилик пенен ўаз айтады, сабырлылық қылады ҳәм үмит етип, исенеди! Ол халық алдында көзабаға ойнамайды, өз жағдайын пәс қылмайды, өз қағыйдаларын ҳеш бир нәрсеге бейимлестирмейди. Ол көбинесе қоршаған орталық жағдайын қадағалайтуғын термостат сыяқлы хызмет етеди. Бирақ ол жағдайдың қандай екенин тек көрсетиўши термометр емес. Ол ҳеш қашан көпшиликке арналған, сәнге кирген, қолайлы, абырайлы болмайды ҳәм дәўир менен тең қәдем тасламайды. Оның ҳақыйқый тәрепдарлары аз болып, оның философиясы танықлы емес. Бирақ оның сыйы уллы. Оның шәкиртлери усы жерде, бул жер бетинде сый алмайды. Бирақ Қудай оларды әлбетте: «Жақсы ҳәм садық хызметши!» — деп айтады. Боб Муэрхед. Орны менен айтылған сөзлер ҳаққында (Bob Moorehead, Words Aptly Spoken, p. 17). 5-қосымша Иохан компаньенниң «жаңа мың жыллық босағасында» атлы баянламасынан үзинди Диний еркинлик дәрежелериниң пәсейиўине тәсир ететуғын кери бағдарлар даўам ете берсе керек. Және де, масихыйларды қуўдалаўлар пүткил жер жүзиндеги исениўшилерге ҳәр қыйлы жаңа қыйыншылық ҳәм азаплар әкеледи. Жаңа мың жыллықтың машқалалары жеткиликли түрде қыйын болып, оларды шешиў аңсат емес. Негизинде адамлардың тәғдири ҳәм олардың жанлары ҳаққында сөз бармақта. ЖӘМӘӘТКЕ ТАСЛАНҒАН ШАҚЫРЫҚ Диний еркинлик пенен байланыслы машқалалар соңғы жигирма жыл ишинде бес түрли келисипеўшилик жағдайы менен сыпатланады. Жәмәәт бул сынақлардан беккем болып шығыўы тийис. 1. Идеология тараўындағы урыс Бул урыс жәмәәтлер қуўдаланатуғын еллерде алып барылады. Деген менен, идеология тартысы жәмәәт шама менен тынышлық жағдайында болғанда да байқалады. Ҳәзирги ўақытта дүньяжүзлик жәмийетшилик Батыстың мәмлекет ямаса адамлар атынан дүньяның басқа еллериндеги диний еркинлик тараўына араласып, оларды сынға алыўына ҳәм бул бойынша есап талап етиўине қарсы. Бул әсиресе Хантингдонның мақуллаўды талап ететуғын режесинде анық көринеди. 1996-жылы Сэмюэл Хантингдон (Samuel Huntingdon) цивилизациялардың соқлығысыўы ҳәм дүнья тәртибиниң өзгериўи (The Clash Civilizations and the Remaking of World Order) ҳаққында китап жазып шығарды. Ол өз китабында пүткил жер жүзин батыс, синай, япон, индус, ислам ҳәм православ деп алты мәдениятқа бөлди. Ол усы келиспеўшиликте жасаўшы мәдениятлардың шегарасындағы мәмлекетлерден пүткил жер жүзине қәўип туўады деп есаплаған еди. Бул арқалы автор дүньяда диний еркинлик ушын өзиниң ойының өлим әкелиўши екенин ҳәм ҳәр бир мәденияттағы машқала басқа мәдениятларға тийисли емес екенин айтқысы келеди. Солай етип, егер Пакистан өзиниң масихый пуқараларын жоқ қылмақшы болса, Батыс буған ҳеш араласпаўы керек. Ҳәр бир мәденият өз қағыйдаларына ҳәм дурыс жасаўға ийе әдеп-икрамлық атаўы болыўы тийис. Соңғы жигирма жыл ишинде пуқаралық ҳуқықлар ушын гүресетуғын шөлкемлердиң санының кескин өсип кетиўи жүз берди. Мысалы: «Халықаралық амнистия» (Amnesty International) ҳәм «Адам ҳуқықларын қадағалаўшылар» (Human Rights Watch). Олардың искерлиги адам ҳуқықлары яки өмир өлшемлери ҳәмме жерде бирдей деген ойға тийкарланған. Бундай орынның душпаны постмодернизм болып табылады. Ал постмодернизм ҳәр бир мәдениятқа өз өлшемлери тән деп тастыйықлайды. Постмодернизм әлле қашан батыс университетлеринде жеңиске еристи. Ис жүзинде батыс ҳүкиметлериниң дүньяның басқа аймақларындағы келиспеўшилик жағдайларына араласыўды қәлемеўин көриўге болады. Тибеттеги адам ҳуқықларын бузыўға қарсы шығыўларға қарамастан, Батыс ис жүзинде бул аймақтағы диний ҳуқықларды қорғаў ушын ҳеш нәрсе ислемей атыр. Қүдиретли искер орайлар исениўшилердиң исине аралысыў бойынша ҳәр қандай ҳәрекетти тоқтатып тасламақта. Бул келиспеўшиликте ким утады? Ғәрезсиз мәмлекетлерде диний еркинлик дәрежесин анықлаўға ҳәм оларды өз сиясаты ушын есап бериўге мәжбүр етиўге ким ҳақылы? Бул урыста жеңилиў Хош Хабар жәмәәтлери менен хызметлериниң белгили болмаўының күшейиўине алып келеди. Өйткени олар тек Хош Хабар сиясатын иске асырады ҳәм постмодернизмниң плюралист орынларында турмайды. Жақында индус тәрептарлары өзиниң дуўа етиў календарында исениўшилерден «руўхый қараңғылықта болған сегиз жүз миллион индус ушын дуўа етиўди» сораған, Қурама Штатларындағы баптистлерди сынға алады. Индуслар: «Бизиң мәдениятымыз сизиң мәдениятыңызға тең», — деп тастыйықлайды. Бирақ Хош Хабар масихыйлары булай деп есапламайды. Базы мәдениятлар ҳақыйқаттан да руўхый қараңғылықта болмақта ҳәм егер биз қалай ойлайтуғын болсақ, солай сөйлеў ҳуқықымызды жойтып қойсақ, онда жеке еркинлигимизден айырылып, қуўдаланып атырған жәмәәттиң ағзалары ушын гүресе алмаймыз. Мүмкин, бул онша жаман емес шығар. Себеби қуўдалаўлар жәмәәттиң жетискенликке қарай өсиўине тез-тез хызмет еткен. Бирақ бундай жағдайда, биз адам ҳуқықлары ушын гүресте өз аўқамласларымыз болған батыс еллериниң ҳуқық қорғаўшылары менен ҳүкиметлеринен айырыламыз. Ал олар жүдә баҳалы аўқамласлар болып табылады. Бирақ бизлер урысты қалай алып барыўымыз керек? Онда тек жоқары лаўазымларды ийелеўши ақыллы адамлар қатнаспаўы тийис. Өйткени ҳәр бир адам диний сораўлардың жүдә әҳмийетли екенин тастыйықлаў мүмкиншилигине ийе. Мухаддес Китаптағы ҳақыйқатлар жәрияланғанда, көп масихыйлар бул урыста қатнасады. Мысалы: Англиядағы архиепископ Кентерберийский гомосексуалистлердиң руўханий болып хызмет етиўге ҳақылы емес екенлигин айтқан еди. Сонда жынысый азшылық ҳуқықлары ушын гүрес шөлкеми оны дәрҳал-ақ шыдамсызлықта айыплады. Архиепископ Мухаддес Китап ҳақыйқатларына тийкарланған өз пикирин билдириўге ҳақылы. Бирақ базылар ушын бул ҳақыйқатлар жүдә хорлықлы. Және де, биз бир нәрсени көндириўге жол қоймайтуғын шыдамлықты тән алыўға қайыл емеспиз. Лешек Колаковски (Leshek Kolakowski) былай деп жазады: «Бизге шыдамлылық көрсетилгенде, ол бийпәрўалық түрине ийе болады. Мысалы: бизлерди көз қарасымызды айтыўдан өзимизди тутыўды сорайды, ҳәтте, ҳәр қандай минез-қулық ямаса басқа адамлардың пикири менен келисиўди сорайды». Бул диний шыдамлылық дәстүрий түсиник пенен кескин қарама-қарсы болып, оған сай мәмлекет үстем динди енгизиў ушын күш қолланыўға ҳеш қандай ҳақылы емес. Бул гүрес Батыста жеңиске еристи. Бирақ ҳәзирги күнде ол дүньяның басқа бөлеклеринде, әсиресе ислам еллеринде даўам етип ҳәўиж алмақта. Деген менен, егер диний ислерге араласпайтуғын мәмлекет ҳәммени пюреалистлик динге исениўге мәжбүрлесе, жеңис өз әҳмийетин жойтады. «Сизлер АҚШ та жасаўшы буддистлерди масихый болыўға мәжбүр ете алмайсыз», — деп айтыў бир гәп (дәстүрий шыдамлылық), «Масихый адам буддистке ўаз айтпаў керек, ол буддисттиң исенимин ҳүрмет етиўи тийис ҳәм оған шыдамлылық пенен қатнас жасаўы тийис, өйткени ҳәмме жоллар да Қудайға алып барады», — деп айтыў басқа гәп. Бийпәрўалықты шыдамлылықты жаңадан анықлаў дегенде, Колаковски усыны нәзерде тутады. Бийпәрўалық бир адамның масихый, я буддист болғанына парықсыз қарайды, себеби еки жолды да Қудайға алып барады деп есаплайды». Бирақ масихый бул жағдайда қарсылық көрсетип, өзиниң «ҳүжим жасаўшы» болыў ҳуқықын жақлайды. Динди таңлаў — бул тек унатыў емес, ал өмир ҳәм өлим иси. Сонлықтан келеси жигирма жыл даўамында келиспеўшилик күшейип бара береди. Қызығы сонда, масихыйлар өзлерин қуўдалаған еллерде диний еркинлик ушын гүресте жеңиске ерисип атырған бирдей ўақытта, батыс еллеринде олар оннан айырылып атыр. 2. Ғалаба байланыс тараўындағы урыс Бизиң өмиримизди соншелли күшли түрде өзгертетуғын ғалаба хабар тараўында урыс сөзсиз болады. Мағлыўматлар әсириниң парадокси мағлыўматтың еле де қол жетер дәрежеде болыўы, ал адамлардың мағлыўматқа еле де аз ийе болыўы болып табылады. Қуўдаланып атырған жәмәәт ушын туўдырылатуғын бир қәўип — көплердиң оған жәрдем бериўди қәлеўи, бирақ билими жетиспегени себепли олар жәмәәтке я зыянын тийгизеди, я оны өз мақсетлери ушын қоллана баслайды. Бундай жағдайда урыстың мақсети — қуўдаланып атырған жәмәәтти ислетиў емес, ал қуўдаланып атырған жәмәәттиң мәплерин қорғаўдан ибарат болады. Дүнья жәмәәтти қуўдалаў факти ҳаққында гүўалық бериўи тийис. Қуўдалаўлар менен қуўғынлар келеси жигирма жыл ишинде төмендеги ҳәр түрли усыллар менен иске асырылса керек: 1. Қуўдаланып атырған жәмәәт өзи ҳаққында әпсаналар тарқатады ҳәм өзине ылайықсыз дыққат қаратады. Қуўдаланып атырған жәмәәтлер өз азапларын диний көз қарас бойынша жийи-жийи надурыс түсиндиреди. Қуўдаланып атырған жәмәәт тарқататуғын жалған ой-пикирлер мыналардан ибарат: • «Қуўдалаўлар Қудайдан келеди». Яқ, қуўдалаўлар — бул жаман. Қуўдалаўлар Қудайға емес, ал шайтанға тийисли. Бундай адамлар Қудайдың жобасы менен Оның ҳәмме нәрсени жақсылыққа айландырыў қәбилетин алжастырады. • «Жәмәәт қуўдалаўлар жағдайында жақсырақ өсип барады». Ҳақыйқаттан да, жәмәәт қуўдалаўлар жағдайында өсип барады. Бирақ Лука оның тынышлық жағдайында жақсырақ өсип баратуғынын айтады (Ел. исл. 9:31). • «Қуўдалаўларға қарсылық көрсетиўдиң кереги жоқ, ал оларға қуўаныў керек». Ийса бизлерге қуўдалаўлардан қашыў кереклигин мәсләҳәт береди (Матта 10:23 ке қараң). Ал Павел тынышлық ушын жумыс ислеў кереклигин айтады. • «Исенимде өсиў ушын, қуўдалаўлардан өтиў керек». Қытайдағы үй жәмәәтлериниң көп жетекшилери қуўдалаўлар — бул исениўшилердиң өсип барыўының жалғыз емес, ал көп усылларының бири деп есаплайды. 2. Интернет әсиринде хабарлар тезирек тарқатылады. Сонлықтан қуўдаланып атырған қәўимлерде көп надурыс мағлыўматлар болады. 3. Жәмәәтке қарсы қуўдалаўлар ҳаққында хабарлар саны өсип барады. Ҳәзир идеология дәўири тамамланды деп тастыйықлаў қыйын. Бурын ҳәммеси аңсатырақ болған еди. Мысалы: Қытайда Мао Цзэдунның заманында, барлық масихыйлар бирдей азап шеккен еди. Бирақ ҳәзир бул елде рәсмий тән алынған жәмәәтлер болған аймақларда жәмәәт еркинликке ийе. Ал басқа аймақларда рәсмий жәмәәт қадағалаў астында болып, ол жынаятшылыққа толған болғанлықтан, бул масихыйларды үй жәмәәтлерине кетиўге мәжбүр етеди. Еркинлик дәрежесиниң айырмашылығын анықлаў қыйын болған көп нәрселерге байланыслы. Бирақ бул парадоксти мағлыўматларды ислеп шығыўға ўақты жоқ адамларға қалай жеткизиўге болады? Қуўдалаўлар қатал болып барған сайын, бундай жағдайлар әҳмийетли болып бара береди. 4. Жәмәәттиң қуўдалаўшыларға деген қатнасы бойынша жағдайды жәмийетшилик ҳәм исениўшилер надурыс түсинип қалыўы мүмкин. Миссияларға исениўшилерди қуўдалап атырғанлар менен жүзбе-жүз сөйлесиўге туўра келеди (мысалы: Қытайда жоқары мәмлекетлик ҳәм мусылман жетекшилери менен сәўбет). Әпиўайы исениўшилер өзлерин сатқандай сезиўи мүмкин. 5. Қаржылай жәрдем алыў бойынша азайып баратырған қәўендерлер арасында бәсекелесиў күшейип бара береди. Қаржы мәселеси қыйынласып барған сайын, миссияларға бир-бириниң арқасында ақша ислеп табыўға байланыслы азғырылыўға төтепки бере алыўы керек болады. 6. Қуўдаланып атырған жәмәәтти түсиниўди ҳәм қорғаўды үйрениў тийис. Соңғы бес жыл ишинде қуўдаланып атырған жәмәәт сиясатшылардың күн тәртибинде әҳмийетли тақырып болды. Қурама Штатларда усылай болған еди. Бул жақсы фактор. Бирақ ҳуқық қорғаўшылардың өз ара келиспеўшиликте қуўдаланып атырған жәмәәтти күшли дәлил сыпатында қолланыўға ҳәрекет етиў қәўипи бар. Мысалы: базы миссиялар Қытайдағы қуўдаланып атырған жәмәәттиң аянышлы аўҳалын Клинтонның администрациясына басым көрсетиў ушын қолланған. Айырым ҳуқық қорғаўшылар машқалаларды түсиниўден ҳәм қуўдаланып атырған жәмәәттиң өзине жәрдем көрсетиўден гөре, өз искерлиги тараўында сиясий мақсетлерге жетисиўге көбирек қызықсынады. Ал басқалар нызамның жәмәәтке жәрдем көрсетиўдеги ролин көбирек баҳалап жибереди. Келешекте ғалаба байланыс тараўында жағдай еле де жаман болып бара береди. Телевидение ҳәм киностудиялар менен байланысқа ийе орталықлар өзлери менен жарысыўшыларда болған хабардан да күшлирек хабар жәрдеминде оларды жоқ қылыўға бейим болыўы мүмкин. 3. Руўхый тараўдағы урыс Еркин дүньяда қуўдаланған жәмәәттиң исениўшилери ерискен тәжирийбе менен жәмәәтлерди байытыў ушын, руўхый урысқа түсиўи керек болады. Қуўдаланып атырған исениўшилердиң өмири Батыстағы шәкиртлерди тәрбиялаўға жәрдем береди. Соңғы отыз жыл ишинде айтарлықтай алға илгерилеў болды: батыс жәмәәти қуўдаланып атырған жәмәәтке жәрдем бере баслады ҳәм өз гезегинде қуўдаланып атырған жәмәәт те батыс жәмәәти менен Қудайдың күши ҳаққында руўхландырыўшы гүўалықлар менен бөлисе баслады. Бул алмасық руўхый тараўға да тарқалады, яғный қуўдаланып атырған жәмәәт пенен қатнас Қудайға қалай жақынласыў кереклигин көрсетеди. Қуўдаланып атырған жәмәәт күшли руўхый ҳақыйқатларды, яғный бизиң мәдениятымыз жағдайында биз қабыл алмаўға бейим болған ҳақыйқатларды түсиниўге мәжбүрлейди. Бул пүткил батыс жәмәәтин жаңалаўға деген әҳмийетли гилт болып хызмет етиўи мүмкин. Батыстағы исениўшилер бул жаңа түсиникти өзлериниң Қудай менен жүриўинде қоллана алыўы ушын, қуўдаланып атырған жәмәәт ийе болған руўхый мақсетлерге қарай батыс жәмәәтин оятыўы ушын күшли ҳәрекетлер керек болады. Бул пүткил дүнья жүзиндеги жәмәәтке бирликке ерисип, күшли болыўға жәрдем береди. Мысалы: азап шегип атырған жәмәәттиң артықмашылықларының бири — оның дүньяға «ақырзаман» көз қарасы менен қараўынан ибарат. «Ашық есиклер» хызметиниң жумысшыларының бири 1999-жылы қытайлы ҳәм америкалы шопанларының мынадай сәўбетиниң ерксиз гүўасы болған еди: Америкалы шопан (АШ): Мухаддес Китаптағы қайсы китап сиз ушын ең қәдирли? Қытайлы шопан (ҚШ): Мүмкин, елши Юханның «Аян» китабы болса керек, себеби… АШ: Шегип атырған азапларыңыз тезирек ақырзаман келиўи бойынша қәлеў туўдырып, Масихтың жеңиске ерисетуғыны ҳаққында аян сизлерди беккемлей ме? ҚШ: Аўа, бул да. Бирақ бизлер Аянға тек ақырзаман ҳаққында сүўретлеме сыпатында ғана қарамаймыз ҳәм биз онда дүньяның ҳәзир қандай жағдайда екени бойынша баянламаны да көремиз. АШ: Аўа, ҳақыйқаттан да, бизлер соңғы ўақытларда жасамақтамыз! ҚШ: Яқ, мен бизлер бәрқулла соңғы ўақытларда жасайтуғынымызды нәзерде тутқан едим. Аян Америкада болған сизлер ушын да, Қытайда болған бизлер ушын да Масихтың атанақ ағашта өлген ўақтынан баслап, бизиң дүньямыздың мәңгилик жағдайын баянлайды. АШ: Мен сизди түсинбеймен. Аян бизлерге дүньяның ақырына жететуғыны ҳаққында баянлайды. ҚШ: Ал мен сизге оның бизиң дүньямыздың ҳәзирги жағдайын да баянлайтуғынын айтып атырман. Бизиң бул жерде, Қытайда шеккен азапларымыз бизге буны түсиниўге жәрдем етти. Америкадағы исениўшилерден өмир дәрежесиниң жоқары болыўы бул ҳақыйқатты жасырған шығар. Билесиз бе, бизиң Қытайда өз қайсарымыз бар. Оның аты Мао. Ол ерте заманлардағы жәмәәттиң қайсары сыяқлы өзине тек қайсарға тийислини емес, ал Қудайға тийислини де бериўимизди талап етеди. Ол бизге басым жасаў ушын Ҳайўанды, ал бизди азғырыў ушын жалған пайғамбарды ислетеди. Биз бутқа табыныўшылыққа «Қозының гүўалығы» менен қарсылық көрсете баслағанымызда, бизди қамаққа таслап, өлтире баслады. Солай етип, Аян — ҳәр қандай жәмийетте болып атырған руўхый урыстың баянламасы. АШ: Бирақ, бул бүгин Америка жәмийетинде жоқ-ғо. Сиз буның бизден жасырын екенин айтып атырсыз. Сиз нени нәзерде тутпақтасыз? ҚШ: Бул келиспеўшилик Қытайдағы бизлер ушын анық. Сизлер Маоның өзин бут қылып, сыйыныўды талап еткенин көрмеўиңиз мүмкин емес. Солай етип, бизлер ушын жаўық перде алып тасланған болып, бизлер дүньяны қандай болса, сондай қылып көрдик. Яғный, оның бутлар табыныўды талап ететуғын жер екенин көрдик. Бул сизлерде, Америкада да бар. Бирақ бул барыслар жасырын болып өтеди. АШ: Бирақ, мүмкин, олар улыўма жоқ та шығар? Билесиз бе, бизлер масихый елде жасаймыз яки жасаған шығармыз. ҚШ: Сизге айтажағым, бизиң жәмийетимизде де өз қайсарлары ямаса бутлары бар. Олар, ҳәтте, бизиң жәмәәтимизде де, яғный исениўшилер жәмәәтинде де бар. Және де, бутқа табыныўшылық Мухаддес Китап тәрепинен қоллап-қуўатланады дейтуғын, жалған пайғамбарлар ҳәм бизди соған ийтермелейтуғын ҳайўанлар да бар. Мысалы: бизиң қайсарымыз адам емес, ол идеология да болыўы мүмкин. Бизлерде Америкада оқыған ўақтында, бир жыл даўамында америкалы хожалықта жасаған бир жигит бар. Хожалықта ҳәммеси жақсы ҳәм сақый болған. Бирақ жигит олардың бәрқулла қыйналып жүретуғынын байқап қалды. Хожалықта ата-ана жүдә көп жумыс ислейтуғын, жақсы айлық табатуғын еди. Олардың үш көлиги, еки үйи болып, олар қаланың шетиндеги жүдә қымбат үйдиң ағзалары болған еди. Бирақ жигиттиң байқаўынша, олар жәмәәтке қурбанлыққа жүдә аз ақша беретуғын еди. Олар бир рет те талабаға қытай жәмәәти туўралы бирде бир сораў бермеди ҳәм жигит кетеринен алдын, оның қолына ишинде жигирма доллар болған конвертти услатты. Жигит маған: «Мен оларды қатты аядым. Олар күштен талып жүреди, себеби олар «америка әрманы» деп аталған турмысқа жетиўге ҳәрекет етеди. Билесиз бе, еле шайтан бар екен, демек, бизлерди Қудайға сыйыныўдан алағада қылатуғын бутлар да бола береди. Бир бутлар белгили болып, қуўдалаўлар арқалы душпан бизди оларға табыныўға мәжбүрлемекши болады. Сонда биз олардың қандай бут екенин көремиз. Бирақ егер сиз күшли қуўдалаўлар ишинде болмасаңыз, жалған қудайларға табынып қойыўыңыз, ҳәтте, табынып қойғаныңызды түсинбей қалыўыңыз да мүмкин. Аянда берилген келиспеўшилик бәрқулла ҳәм ҳәмме жерде болып турады. Қуўдалаўлар буны түсиниўге жәрдем берди, ал гүллениў болса, көзлеримизди жаўады. АШ: Ҳм… м… Егер сизиң айтып атырғаныңыз рас болса, онда тутыныўшы жәмийет коммунизмнен де қорқынышлы болған, исенимди өлтириўши нәрсе екен-ғо. ҚШ: Бизлер бул жерде, Қытайда өзимиздиң «ақырзаман» көз қарасын жойтып қойыўымыздан ҳәм ўақты келип, коммунизмде соншелли анық болған бутқа табыныўшылықтың күшин көрмей қалыўымыздан қорқамыз. Бул америкалы шопан қуўдаланып атырған жәмәәт тәжирийбеси арқалы ҳақыйқатты көрди ҳәм барлық батыс масихыйлары да қуўдаланып атырған жәмәәтке көзлеринен пердени алып таслаўға жол қойыўы тийис. Қуўдаланып атырған жәмәәттиң өзлериңизге хызмет етиўине жол қойып бериң. Қытай ҳәм Кореяда болғаны сыяқлы, жаңа еркинликлер масихый исениўшилердиң ҳәм олардың муғаллимлериниң жаңа әўладын пайда етеди. Жәмәәт жаңа хызметшилерди қабыл етиўи тийис. 4. Сиясат тараўындағы урыс 1979-жылы болған Иран революциясы ўақтынан баслап, пүткил жер жүзи бойлап, сиясий элита қуўдалаўларды сиясий күш сыпатында ислетиўге болатуғынын түсинди. Диний урысты баслап, бийликке ийе болыў мүмкин. Жеке сиясий мақсетлер ушын пайда болған тәртипсизликти шебер басқарыўға болады. Усындай аўҳал Иранда болған еди. Сонда ҳүкиметти басып алыўды қәлеўши қағыйдасыз сиясатшылар пүткил жер жүзиндеги ислам экстремистлеринде «ҳақ» диний ғәзеп жалынын пайда етти. Бул усыл Джанат Бхаратияның индус сиясий экстремист партиясының платформасы арқалы иске асты. Егер Амбон атаўындағы агрессия тоқтатылмағанда, Индонезияда бул усыл көп апатшылық алып келиўи мүмкин еди. Сонлықтан масихыйлар бурынғыдан да бетер лаўлаған отқа жақын турыпты ҳәм келеси жигирма жыл ишинде аўҳал еле де жаманырақ болады. Масихыйларға жек көриўшилик кампаниясы, муқыятлы түрде ислеп шығылған жалғанның орайы қарсы турады. Буның нәтийжесинде кейин жалған айыплаўларды аяўсыз қуўғынлардың тийкары сыпатында қолланыў ушын, исениўшилерге жала жабыўға ҳәрекет етеди. Сонлықтан ҳәр қандай жалғанды илажы барынша тезирек әшкаралаў тийис. Солженицынның айтқанындай: «Бир дурыс сөз пүткил дүнья дәлиллеринен салмақлырақ болыўы керек». Келешек урыслары диний болыўы мүмкин ҳәм айтып өтиў артықмаш болмас, биз пүткил жер жүзинде тынышлық орнатыўда өз ролимизди атқарыўымыз тийис. Қуўдалаўларды ең түбиринде жоқ қылатуғынлар тынышлық исине ҳәр қандай президент яки дипломаттан да көбирек үлес қосқан болады. 5. Жәмәәт тараўындағы гүрес Соңғы бес жыл ишинде протестант жәмәәтлери қуўдаланып атырған жәмәәтти қоллап-қуўатлай баслады. Қуўдаланғанлар ушын өткерилетуғын халықаралық дуўа етиў күни буның менен туўрыдан-туўры байланысқа ийе. Бурын протестант жәмәәтлери жасырын жәмәәтлерге қарсы қуўдалаўларға үлкен садалық пенен қатнас жасады. Сонлықтан қуўдаланып атырғанларға жәмийетлик қоллап-қуўатлаўды ғәрезсиз нонконформист жәмәәтлер иске асырды. Бирақ енди ис жағдайы өзгермекте. Вашингтон округиндеги ең абырайлы просвитериан жәмәәти 1998-жылы туўысқанымыз Андрейди (brother Andrew) Халықаралық дуўа етиў күнине (он жыл бурын иске асырыў мүмкин болмаған) мирәт етти. Бул руўхландырыўшы жаңа мүмкиншиликлердиң басламасы болды. Егер рәсмий жәмәәтлер Хош Хабаршы жәмәәтлерди тыңлағысы келсе, онда соңғылар олар менен қуўдалаўлар ҳәм қуўғынлар туўралы билимлерин бөлисе алады. Хош Хабаршы жәмәәтлер де рәсмий жәмәәтлердиң дипломатик тәжирийбесинен бир нәрселерди үйрене алыўы мүмкин. Солай етип, егер бул машқалаға әдеплилик ҳәм сақлық пенен жантасса, онда батыс протестантизминиң ишиндеги жәмәәтлердиң экуменикалық байланысыўы жүз береди. Егер экуменизм жойбар сыпатында биргеликте алып барылатуғын искерлик арқалы ерисиўге болатуғын нәрселерге бағдарланған болса, өмирге деген уқыбы күшлирек болыўы мүмкин. Гүманларды жеңиўди гөзлеген узақ мүддетли бул жойбар көплеген он жылларға созылады. Диний топарлар арасында тосқынлыққа айланған диний айырмашылықларды умытыўға болады. Қуўдаланған жәмәәтке көрсетилип атырған бирликли қоллап-қуўатлаў пүткил жер жүзлик жәмәәттиң биригиўи ушын әҳмийетли басламаға айланыўы мүмкин. Бирақ ҳәзирше биз өзлеримиздиң көп даўысымыз бенен бир-биримизди набыт қылып, бизди еситиўши ҳәммени алжастырамыз. Биз өзлеримизди қоршаған дүньяға Ийемиз Ийса Масихтың тәлийматы менен тәсир жасамаймыз. ЖӘМӘӘТТИҢ ЖУўаБЫ Келеси жигирма жыл даўамында жәмәәт араласатуғын тийкарғы бес урыста қатнаса отырып, айырым әҳмийетли нәрселерди есте сақлаўымыз тийис. Егер биз исенимниң беккем тийкарында туратуғын болсақ, нәтийжели түрде гүресе аламыз. 1. Еркин жәмәәт ушын ояныў Уллы тапсырманы орынлаў исинде дағдарыс пайда болды. Гәп жәмәәттиң бул шақырыққа бойсынбағанында емес. Гәп ҳеш қандай да бунда емес. Адамлар исениўши болып, өз исенимлерин басқалар менен бөлиссе, оларға жүдә жийи азап шегиўге туўра келеди. Сонлықтан бизиң шақырығымыз әпиўайы болып, биз жәмәәттиң азап шегиўин Мухаддес Китап үлгисинде түсиниўге қайтыўымыз тийис. Бул бизиң мыналарды тән алыўымыз кереклигин аңлатады: көп адамлар ушын Масихты қабыл ететуғынын ҳәммеге еситтирип айтыў ҳәммесине, яғный кемситилиўден өлимге дейин барыўға қайыл болыў дегенди аңлатады. Бүгинги күнде дүнья жүзинде бул тастыйықлаў миллионлаған исениўшилерге деген қатнаста әдил болып табылады. Бүгинги күнде еркин жасап атырған масихыйларға азаплардың ҳақыйқый екени ҳаққында мәлим етип барыў әҳмийетли болып, бул исти қоллап-қуўатлаў керек. Ерте заманлардағы жәмәәттиң басына түскен азаплар ҳәзирги ўақытта да ҳақыйқаттан бар екенине биз ҳайран қалмаўымыз тийис. Себеби Мухаддес Китапта сөз етилген ўақыялар анық. Павелдиң Тимофейге айтқанындай: «Солай етип, Ийемиз ҳаққында гүўалық бериўден ҳәм Ол себепли тутқын болған меннен арланба. Керисинше, Қудайдың берген күши менен Хош Хабар ушын мениң менен бирге қыйыншылық көр» (Тимоф. 2-х. 1:8). Көбинесе уялмастан гүўалық беретуғын масихыйлар қуўдалаўға ушырайды. Жазалаўшы тәртипке ийе еллерде ўаз айтыўшылар қамаққа түсиў қәўипине ийе, Хош Хабар исениўшилери полиция менен соқлығысыўдан қашыўға мәжбүр. Ал исенимге жақында келгенлер «жынаятшылар» деп аталады. Қуўдалаўларда болған туўысқанларға жәрдем ете турып, биз Уллы тапсырма исин қорғап, оны алға илгерилетемиз. 2. Дуўа етиў — әҳмийетли бөлек Қуўдаланып атырған масихыйдан оған қалай жәрдем бериўге болады деп сорағанда, сиз сөзсиз мынадай жуўапты еситесиз: «Илтимас, бизлер ушын дуўа етиң». Қуўдаланып атырған жәмәәттиң исениўшилери дуўа етиўдиң күшин жақсы биледи. Бир масихый туўысқанымыз наҳақ ҳүким етилген ҳәм Перудеги бир адамлық камераға қамалғанда, былай деп гүўалық берген еди: «Мен сизлердиң дуўаларыңыз себепли жасап атырман». Ал басқасы оны мақуллап: «Биз өз исимизди тек сизлер бизди дуўа етиў арқалы қоллап-қуўатлағаныңыз себепли ғана даўам ете аламыз», — деген еди. Биз қуўдаланып атырған жәмәәтти қоллап-қуўатлаймыз ҳәм азап шегип атырған исениўшилер менен дуўа етиў арқалы өз ара қарым-қатнастың жаңа ҳәм таң қаларлық көп қырлылығын табамыз. Еркин жәмәәт масихыйлары өзлериниң дуўаларына жуўап беретуғын Қудайға дуўа ететуғыны ҳаққында ҳақыйқатлықты жаңадан билип алады. Биз Батыста турып, исеними ушын қатты азап шегип атырғанлар ушын бийғәрез тәўеллешилик пенен дуўа етип, оған жуўап алсақ, жаңа руўхланыўшылыққа ийе боламыз. «Ашық есиклер» хызметиниң мийнети ушын дуўа еткен ҳәм Қудайдан шабарман достысына дәри-дәрмақ бериў бойынша белги алған Голландия шыпакериниң қуўанышын көз алдыңызға келтирип көриң. Бул шабарман Мухаддес Китапты Шығыс Европаға жеткизип берди. Шабарман белгиленген еллердиң бирине жетип келгенде, оны қабыл етиўши туўысқанымыздың қызы өлейин деп атыр еди. Бирақ шабарман исениўшиниң қызының өмирин өлимнен сақлап қалған сийрек ушырасатуғын дәрилерди әкелгенин билди. Қуўдаланып атырған жәмәәттиң ҳақыйқый өмири пүткил дүнья масихыйлары тәрепинен тән алынады. Бул қуўдаланып атырған жәмәәт ушын Халықаралық дуўа етиў күниниң абырайының исенимли түрде өсип барыўы арқалы анық дәлил бола алады. Усы әжайып баслама дуўа етиўшилердиң кишкене топары тәрепинен басланып, ҳәзир бир жүз отыз елдеги үш жүз мыңнан да аслам жәмәәтлерди өз ишине қамтыйды. Қуўдаланып атырған жәмәәт — бул дуўа етип атырған жәмәәт. Қытайда дуўа етиўшилер таңғы үште «биринши дуўа етиў жыйналысы» ушын турады. Аўа, сиз белгили бир адамлар ушын Ийемиз алдында сорасаңыз, бул сизиң бирге ислесиўиңиздиң толқынландырыўшы ҳәм әҳмийетли бөлеги. Сиз билесиз, олар да өз гезегинде сизлер ушын дуўа етеди. 3. Жеке қатнасыў арқалы хызмет етиў Масихыйлар дуўа етиў ушын бириккенде, Ийемиз көп адамларды исениўшилер дуўа еткен адамлар ушын дуўа етиўге ҳәм қуўдаланып атырған жәмәәт ағзалары менен жеке ушырасыўға шақырады. Исениўшилер өзлери ҳаққында умытпағанын билсе ғана, ҳәр қандай соққы ҳәм басымға шыдам бере алады. Бахтымызға қуўдаланып атырған жәмәәт ағзалары менен байланыс жасаўға жәрдем бериўши шөлкемлер ҳәм халықаралық мәсләҳәт орайлары бар. Бундай шөлкемлер еле де көп болыўы тийис. Мағлыўмат алмасыў тараўында жаңа технологиялардың артықмашылығын қоллана отырып, мағлыўмат алмасыўды көбейтип, бирге ислесиўди кеңейтип барыў керек. Душпанның урысты шебер алып барыўдағы тийкарғы иси исениўшилерди аўлақ услап, оларға басым көрсетиўден ибарат болып табылады. Бизиң қуўдаланып атырған жәмәәт пенен байланысымыз шайтанға усы жобаларды иске асырыўға жол қоймайды ҳәм исениўшилерге дүньяның барлық жерлерине Хош Хабар жеткизиўге жол ашып береди. 4. Мухаддес Китапты жеткизип бериў Масихыйлар Ийемиздиң «қозыларды отлатыў» бойынша берген буйрығын орынлаған ўақытта, олар және Мухаддес Китаптың масихый өмирдеги орайлық орнын тастыйықлайды. Пүткил дүнья жүзинде болғаны сыяқлы, Қытай ҳәм Африкада Мухаддес Китаптың кескин жетиспеўшилиги ҳәм бөлекленген исениўшилердиң Қудайдың сөзине деген күшли мүтәжлиги сезиледи. Бул мүтәжликти көриў ҳәм Мухаддес Китап жәрдеминде қуўдаланып атырған исениўшилердиң келешегин қорғаў ушын еркин еллердеги жәмәәтлерге қарата жаңа ҳәм қатаң шақырық еситиледи. Егер жәмәәт оны қамақта азап шегип атырғанлардың жеңиллик алыўы ҳәм азат болыўы ушын қолланбаса, Мухаддес Китап қағыйдаларына тийкарланған бул жәрдем еркин жәмәәттиң өз еркинлигинен жаман пайдаланатуғынын аңлатады. Биз жаңадан өзимиз ушын Ески Келисимдеги әдалатлық ҳәм ҳақлық идеяларын ашыўымыз ҳәм ески пайғамбарлар қалай әшкараланған болса, бүгинги күнде мәмлекет ҳәм жынаятқа ийе ҳүкимет Қудайдың халқына солай қатнаста болып атырғанын тән алыўымыз тийис болады. Қудайдың халқы да тәўбе етиў бойынша тасланған бул шақырыққа жуўап бериўи тийис. Пүткил дүнья жүзи совет тәртиби ўақтында миллионлаған масихыйлардың азапларын азайтып көрсетиўге тырысқанда, үндемеслик гүнасы ушын әлле қашан тәўбе етилген. Бирлик көз қарасы тек «келисим» ямаса «сиясий әдеплиликти» аңлататуғын сөз болып қалмай, ал ол пүткил жер жүзиндеги Мухаддес Китап исениўшилери менен бирлесиўди де аңлатады. 5. Исенимге жақында келгенлерге ғамхорлық Биз Хош Хабар күшли қарсылық пенен қабыл етилетуғын жерлерде исенимге жақында келгенлерге ғамхорлық көрсетиў зәрүр екенлигин атап өтемиз. Соның менен бирдей ўақытта Масихтың денесиндеги ҳақыйқый руўхыйлық ҳәм устазлыққа деген мүтәжлик еркин елде де, еркин емес елде де сезиледи. Исенимге жақында келгенлерде жеткиликли билим ҳәм тәртип болмағанлықтан, олар жоқары қәўип топарына киреди. Олар Хош Хабар душпанлары тәрепинен сүйикли нышана болып табылады. Исенимге келгенлердиң санын рәсмийлестириў жеткиликли емес. Олардың руўхый оянғаны себепли болатуғын қуўаныш ғамхорлық пенен теңлесиўи тийис. Олай болмаса, исенимге жақында келгенлердиң көпшилигиниң өмири менен қун төлеўге туўра келеди. Базы мусылман еллеринде бир адамның масихый болғаны мәлим болған жағдайда, ол өз өмиринен айырылатуғыны сөзсиз. Бул еллерде Хош Хабар ең күшли қарсылыққа дус келеди. Егер биз ҳақыйқаттан да, «ҳәмме миллетлерди үйретиўди» қайғыратуғын, жәмәәттиң күшли ҳәм саў болыўына умтылатуғын болсақ, онда биз исенимге жақында келгенлерге деген ғамхорлықты биринши орынға қойыўымыз тийис. «Ашық есиклер» хызметиниң президенти Иохан Компаньенниң (Johan Companjen) баянламасы 2000-жылы Дүньяжүзлик Хош Хабар мәсләҳәт кеңесинде оқылған еди. 6-қосымша Әдалатлы урыс теориясы Туўысқанымыз Джон Реймонд (John Raymond) ҳәм Рейли Финлейсонның (Raleigh Finlayson) мағлыўматларынан КИРИСИЎ Көп адамлар ушын масихыйлардың урысқа деген қатнасы бәрқулла тартыслы болып келгенине гүман жоқ. Бул машқала тилге алынғанда, масихыйлардың гейбир қарсыласлары әдалатлы урыс теориясын дәлил етип келтиреди. Бул қандай теория ҳәм ол қаяқтан пайда болды? Ол заманагөй урысларға тийисли ме? Әдалатлы урыс теориясын жақлаў яки оған қарсы шығыў бойынша қандай дәлиллер келтириўге болады? УРЫСТЫ АНЫҚЛАЎ Әдалатлы урыс теориясы ҳаққында сөз етпестен бурын, биз урыс дегенде нени түсинетуғынымызды анықлап алыўымыз керек. Урыс деп, биз «еки яки оннан да көбирек ғәрезсиз мәмлекетлердиң әскерий күшлери арасындағы қарама-қарсылық» ты нәзерде тутамыз. Бул анықламаларды дыққат пенен оқып шығып, урыстың келиспеўшиликтен айырмашылыққа ийе екенин көремиз. Мысалы: шегара қасындағы келиспеўшиликлер. Урыста бир-бири менен гүресиўши ғәрезсиз мәмлекетлер қатнасады. Бул пуқаралық соқлығысыў ҳәм ишки тәртипсизликлер емес. Бир мәмлекет өз ишиндеги жеке адам ҳәм адамлар топары менен емес, ал екинши мәмлекет пенен урысады. Деген менен, қурал ислетиў саўда-сатықты қадаған етиў яки қамал қылыўды да өз ишине алады ҳәм бул урыстың сыпатламасы болып табылады. ӘДАЛАТЛЫ УРЫС ТЕОРИЯСЫНЫҢ КЕЛИП ШЫҒЫЎЫ Жәмәәт тарийхшыларының көпшилик бөлеги әдалатлы урыс теориясының авторы мухаддес Августин екенлигин мақуллайды. Августинниң тастыйықлаўынша, ис жеке адамның өзин өзи жақлаўына байланыслы болса, адамның өмирин қутқарыў ямаса оның мал-мүлкин сақлаў басқа адамды өлтириўди ақлай алмайды. Бул тастыйықлаў масихый мийрим-шәпәәт көз қарасына тийкарланған. Бирақ сөз мәмлекет басшылары туўралы барғанда, олар тынышлық сақлаўы тийис. Бул ўазыйпа оларға урысты тоқтатыўға ҳуқық береди. Августинниң көз қарасы бойынша әдалатлы урыс теориясы баслы үш негизге тийкарланған: • әдалатлы себеп; • урысты баслаў ушын нызамлы тийкар; • жақсы нийетлер. Әдалатлы урыстың бул үш негизи толық jus ad bellum ге қурылған. Өйткени олар урысқа деген ақланған қатнасты көрсетеди. Мух. Августинниң философиялық идеясының тийкарғы негизлери еки абырайлы нызам жыйнағы болған Мухаддес Китап ҳәм рим ҳуқықлары қағыйдасынан алынған. Августин Мухаддес Китаптан Ийсаның қылышты душпанды өлтириў ушын қолланғанын билип алды. Әдалатлы мақсетке жетиў ушын, Ийса Масих қурал ислеткен болса, демек әдалатлы урысты алып барыўға болады, деп пикир жүргизди Августин. Рим ҳуқықы Августинге рим жәмийетиндеги нызамлы ҳүкиметтиң сораўларын шешиў ушын арнаўлы жағдай жаратып берди. Августинниң Римниң тоналғаны ҳаққында берген жеке гүўалығы сыяқлы, бул тийкарлар jus ad bellum ушын әдеп-икрамлық жақтан ақланған жағдайларды излеўге мәжбүр етти. Августинниң пикири бойынша, әдалатлы урыс өтип атырған жағдайларға, биз өлтириўши күш ислетиўимиз керек болған яки бизге сондай күш ислетиўге рухсат етилген жағдайларға әдалатлы себеп дыққат қаратыўы тийис. Айыпсыз адамлар ҳәм қәўимниң келешеги ушын қәўип туўылса яки адамның тийкарғы ҳуқықлары бузылса, урыс сыртқы қәўиптен қорғаў сыпатында ақланған деген жуўмаққа келди Августин. Оның талапларына муўапық, егер әдалатлық ушын гүрес алып барылса, урыс ақланған деп есапланады. Мысалы: әдалатлы жаза иске асқанда. Деген менен, Августин урыс өш алыў ямаса үстемлик орнатыў ушын қолланылса, оны ақлаўға болмайды деп есаплады. Августинниң жағдайларына муўапық, әдалатлы урыс тынышлыққа ерисиў ушын алып барылыўы ҳәм ол ғәрезсиз мәмлекеттиң ақыллы сиясатының соңғы қуралы болыўы керек. Ол әдеп-икрамлық көз қарасынан адам өлтириў жаўызлық ҳәм урысты баслаў бойынша шешим қабыл етиў тек даўам етип адамлардың өмирин жойтпаў ушын болыўы керек деп түсинди. Буннан тысқары, Августин әдалатлы урыс әдалаттың улыўма қабыл етилген идеалларын бузған жаўызды жазалаўды талап етеди деп санады. Он буйрықтан келип шығып, жаныңдағы адамды сүйиў бойынша, Августин ғәрезсиз мәмлекетлерде өз пуқараларын жақлаў, жаўызлықты баслаўшыларды ҳәм наҳақ зорлықты жазалаў бойынша әдеп-икрамлық ўазыйпасы бар екенлигин тастыйықлады. Оннан да бетер, Августинниң негизлериндеги әҳмийетли орынды әдалатлы себеп тынышлық ҳәм тәртипти қайта тиклеўди талап етеди деген пикир орын ийелейди. Августинниң көз қарасы бойынша үшинши тийкарғы пункт әдалатлы урыс мәмлекет урысты баслаў бойынша нызамлы ҳәм толық сиясий ҳуқыққа ийе болғанда рухсат етиледи екен. Августинниң өлшемлерине сай, jus ad bellum шегараларында жеке адам тәрепинен урыс жәриялаў мүмкин емес, ал ол тек жәмийетлик тәртип ушын жуўап беретуғынлар тәрепинен ғана мүмкин. Августин сиясий бийлик Қудай тәрепинен бериледи ҳәм ол адамның гүнасы себепли пайда болды деп санады. Нызамлы сиясий ҳүкиметтиң роли бундай жағдайда адамлардың өмирин сақлап қалыў ушын урыс ашыўдан ибарат. Солай етип, Августин өз шығармаларында жақсы нийетлерди жеткиликли түрде толық ашып берди. Дурыс нийетлер өлимши күшлерди қолланыўда нызамлы мақсетлерге байланыслы болады. Августинниң сөзлери бойынша, биз жақсылыққа жетисиўге яки урыс арқалы жаманлыққа қарсы турыўға тырысыўымыз тийис. Ол былай деп жазған еди: «Қудайдың ҳақыйқый избасарлары ушын, ҳәтте, урыс тынышлыққа толы. Себеби урыс пайда көриў ямаса жаўызлық ушын емес, ал тынышлықты сақлаў, жаманлыққа қарсы турыў ҳәм жақсылыққа жәрдем бериў ушын алып барылады». Әдетте, бул нызамлы мақсетлер адамның өзин өзи қорғаўынан ҳәм айыпсыз жанларды қорғаўдан ибарат. Августин ушын бул өлшемлер урысты жаўыз қураллар менен алып барыўға умтылыўды қадаған етип, душпан үстинен қадағалаўға ийе болыў ушын күш ислетиўди қаралайды. Әдалатлы урыс урыстан бурын болған жағдайлардан да қаталырақ тынышлық жағдайларын орнатыўға жол қояды. Августинниң тастыйықлаўы бойынша, зыян жеткизбесе ҳәм урыс пайда болыў мүмкиншилигин қысқартса алса, тынышлық излеў керек екен. Ол б. э. 410-жылы Римниң тоналыўының гүўасы болды ҳәм буның нәтийжесинде зорлық ҳәм қан төгиспеге шектен тыс сезимтал болып қалған еди. Деген менен, жаўыз, менменшил күшлер ҳәм адамның тәбиятына байланыслы гүнакар жағдай ҳаққында айта турып, Августин мыналарды атап өтти: «Айтыўларына қарағанда, дана адамлар әдалатлы урысларды алып барады. Бул егер адам өзиниң адам екенин умытпаса, ол бәри бир де әдалатлы урыслардың зәрүр екенин жоқлап жыламайтуғыны сыяқлы. Және де, егер урыслар әдалатлы болмағанда, ол оларды басқармай, пүткиллей барлық урыслардан қутылатуғынына уқсайды. Себеби қарсылас тәрептиң дана адамды әдалатлы урыс алып барыўға мәжбүр етиўи жақсы емес. Усы жаман ис, ҳәтте, егер ол урысқа алып келмесе де, бәри бир де адамларда қайғы пайда етеди. Өйткени бул жерде адамның жаманлығы көринеди. Бул уллы жаманлық болып, барлық қорқынышлар менен жаўызлықлар туўралы қыйналып, ойланатуғын ҳәр бир адам оның бахытсызлық екенин мойынлайды. Ал егер олар ҳаққында оның жүреги қыйналып ойламайтуғын болса, онда бул еле де үлкенирек бахытсызлық болады, себеби бундай адам адамыйлық сезимлерин жойтқанлықтан, өзин бахытлыман деп есаплайды». Бул үзиндиде Августин урыс ҳеш қашан адамның сана-сезимин тәрк етпейди ҳәм Қудай Қүдиретли деген тастыйықлаў менен бир қатарда, өзиниң үш көз қарасының өз ара байланысын көрсетеди. ӘДАЛАТЛЫ УРЫСТЫ ЖАҚЛАЎШЫ ДӘЛИЛЛЕР Көрип турғанымыздай, нәрселердиң тәбийғый тәртибинен келип шығып, тынышлықты сақлаў мақсетинде, Августин ҳүкимдарлардың урыс жәриялаў ҳуқықын тастыйықлайды. Мухаддес Фома Аквинский де тәбият тәртибинде урысты ақлаўды көреди. Бирақ ол көбинесе халықтың абаданшылыққа ерисиўине деген умтылысты тастыйықлап өтеди. Әдалатлы урыс теориясын ақлаў ушын Мухаддес Жазыў да қолланылады. Фома жүзбасы ҳаққында айтылған бир түсиндирмени келтирип өтеди: «Егер масихый дини урыста қатнасыўды пүткиллей қадаған еткенде, онда Хош Хабардан кеңес излеўши адам қуралды шетке ылақтырып таслап, әскерий хызметти өтеўден улыўма ўаз кешиўи тийис еди. Деген менен, Шомылдырыўшы Яқыя әскерлерге өз ис ҳақыларына қанаат етиўди буйырған, бирақ хызметти таслаўды буйырмаған еди». Фома Павелдиң ҳүкимдарларға жәмийеттеги ишки тәртипти бузыўшыларды қылыш пенен жазалаў ҳуқықын бергенин тастыйықлайды. Сол себепли олар өз ўатанының сыртқы душпанларына қарсы қурал қолланыўы тийис. Фома урысқа қарсы айырым дәлиллерди келтирип өтеди. Биринши дәлил Қудайдың тек гүнакарларды жазалайтуғынын тастыйықлайды. Сонлықтан егер Ийемиздиң қылыш көтерген қылыштан набыт болады деген сөзлерин тийкар қылып алатуғын болсақ, онда барлық урыслар нызамсыз деп жәрияланыўы керек. Фома Августинниң Ийемиздиң сөзлеринде қылыш көтериў ҳүкиметтиң рухсатысыз қурал көтериў дегенди аңлататуғынын айтқан Августинниң сөзлерин келтиреди. Ал урыста қылыш ҳүкиметтиң рухсаты менен көтериледи. Екинши дәлил Қудайдың жаманлыққа қарсы турмаў бойынша сөзлерине тийисли. Усыған байланыслы, Августинниң сөзлерине тийкарланып, бундай көрсетпени есте сақлаў ҳәм оны ис жүзинде орынлаў кереклигин айтады. Басқа тәрептен қарағанда, гейде улыўма мәп яки өзиң урысып атырғанлардың мәпи ушын басқаша ҳәрекет етиў керек, дейди Фома. Авустинниң сөзлерин келтире отырып, Фома адамларға гүналарынан қутылыўға жәрдем етиў ушын, гейде оларды, ҳәтте, олардың еркине қарсы жақсы қаталлық пенен жазалаў кереклигин атап өтеди. Ақырында, гүнаны жақсылыққа қарама-қарсы қоятуғын дәлил алдыға қойылады. Тынышлық жақсы, ал урыс оған қарсы түсиник болғаны себепли, урыс гүна болыўы тийис. Буған жуўап ретинде, Фома Августинниң ойын қайталайды. Оған гөре, урыс тынышлық алып келиўи керек. Сонлықтан урыс жаман ямаса гүна емес. Заманагөй автор Мелхиседектиң төрт патшаға қарсы алып барылған урыстан жеңис пенен қайтып келген Ибрайымға пәтия бергени туўралы үзиндини келтирип, оны урыстың «тәбият нызамларына» туўры келетуғынын мысал етип көрсетеди (Жарат. 14:19–20 ға қараң). Ески Келисимде Қудай «урысты көп мәртебе буйырған яки мақуллаған. Бул Шығыў китабы ҳәм басқа китаплардан көринеди». Жаңа Келисимде Ийемиз жүзбасыны мақтады (Матта 8:10 ға қараң). Ийемиздиң Өзи жаман ислерди ислеўшилерге қарсы физикалық күш ислеткен (Юхан 2:15 ке қараң). Жүзбасы Корнилий Қудайдан қорқатуғын адам деп аталады (Ел. исл. 10:2 ге қараң). Павел Гедеон, Барак ҳәм Самсон сыяқлы әскерлерди мақтады (Евр. 11:32–34 ке қараң). Бул үзиндилердиң ҳәммеси Қудайдың урысқа шыдамлы қатнаста екенин дәлиллеў ушын келтирилген. Тәбият нызамлары туўралы айта турып, Фома жеке адамның да, бир мәмлекеттиң де ҳуқықлары ҳаққында пикир жүргизеди. Адам өзин наҳақ жаўызлықтан қорғаўға ҳақысы болғанындай, мәмлекет те сондай ҳуқыққа ийе. Адам әдалатлықты излеп, шығынның орнын өтеўди талап етиўине болады. Сонлықтан мәмлекет те басқа халықты өзине жеткизилген шығынды өтеўге мәжбүр етиўи мүмкин. Әдалатлы урысларды жақлайтуғын ҳәмме дәлиллер болмаса да, олардың айырымлары усылар болып табылады. ӘДАЛАТЛЫ УРЫСҚА ҚАРСЫ ДӘЛИЛЛЕР Әдалатлы урыс теориясына қарсы тийкарғы қарама-қарсылықлар үш пункттен ибарат. Бириншиден, бул теория тийкарғы масихый көз қарасларға, яғный Мухаддес Китаптың көз қарасына да, диний көз қарасқа да туўры келмейди. Екиншиден, бул теория анық сыпатламаларды да, заманагөй урыстың улыўма сыпатламасын да есапқа алмайды. Урыстың әдеп-икрамлық мәниси бойынша қанаатландырарлы пикирге ерисиўге ҳәрекет етиў керек болса, онда буларды сөзсиз нәзерде тутыў тийис. Үшиншиден, бул теорияда анық емес ҳәм қарама-қарсы нәрселер көп болып, оны ис жүзинде қолланыў қәлеген нәтийжелерге алып келмеўи таң қаларлық нәрсе емес. Урысқа қарсы шыққанлар өз дәлиллерин Мухаддес Китап тәлийматына, әсиресе Жаңа Келисимге тийкарлайды. Олардың баслы дәлили Ийса жаманлыққа қарсы болмаў көз қарасына сай жасады ҳәм усылай үйретти деўден ибарат. Павел ҳәм ерте заманлардағы жәмәәт усы дәстүрди даўам етти. Константинниң заманында масихый көз қараслар жәмәәттиң мәмлекет пенен бирдей болыўы себепли қараланды. Солай болса да, жәмәәттиң кейинги тарийхында пацифистлердиң жеделлиги бойынша мысалларды көриўге болады. Томас Мор тәрепинен билдирилген басқа көз қарас бойынша әдалатлы урыс теориялық жақтан мүмкин, бирақ ол ҳақыйқый өмирде мүмкин емес болып табылады. Көплер әдалатлы урыс теориясын заманагөй жағдайларға келиспейди деп ойлайды. ЖУЎМАҚ Биз әдалатлы урыс теориясының раўажланыўына улыўма шолыў жасаўға ҳәрекет еттик. Көринип турғанындай, Августин усы теорияның тийкарын салыўшы болып табылады. Фома Аквинский ҳәм басқа орта әсир авторлары да урыстың усындай түрин ақлаўға қатнасты. Усы дәўирде бийликти дурыс пайдаланыў, урыс жәриялаўға әдалатлы себеплер ҳәм нийетлер түсиниги раўажланды. Франциско Суарес ҳәм Виктория XVI ҳәм XVII әсирлерде әдалатлы урыс теориясын толық ислеп шықты. Олар жаўыз ҳәм қорғаныўшы урыслар арасына айырмашылық қойды. Тағы да, олар бул теорияға тағы да еки шәртти қосты: урыс соңғы усыл болыўы тийис ҳәм урыста оны алып барыўдың дурыс усыллары қолланылыўы керек. Сонда урыслардың көп адамларды жоқ қылыў қорқынышы заманагөй дәўирге де өте баслады. Пуқара халыққа тиймеў заманагөй жағдайларда әдалатлы урыслар теориясына жүдә әҳмийетли үлес қосады. Бул теория ҳәзирги заман жағдайларына туўры келе ме деген тартыслар усы ўақытқа дейин алып барылмақта. Урысты ақлаў мәселеси бойынша ҳәр түрли пикирлер айтылмақта. Урыслар Қудайдың еркине қарсы емес деген дәлилди тастыйықлаў ушын Ески Келисимнен де, Жаңа Келисимнен де үзиндилер келтириледи. Бул мәселеде өз халқының тәбийғый тәртибин ҳәм абаданшылығын қорғаў бойынша ҳүкиметте болған айрықша бийлик әҳмийетли дәлил сыпатында атап өтиледи. Бул көз қараслардың пайдасына және де бир дәлил жеке адамлар менен мәмлекетлердиң ҳуқықларын гөзлеп, пикир жүргизиўге шақырады. Солай етип, бул көз қараслардың тәрепдарлары тарийхқа, жәмәәттиң тәлийматы менен тәжирийбесине тийкарланады. Бирақ усылардың ҳәммесинен кейин, Ийсаның душпанларды сүйиў шақырығын умытпаў тийис. Сиз өз душпанларыңызды сүйип, соның менен бирдей ўақытта оларға қарсы урыс алып бара аласыз ба?[1] 7-қосымша Майкл Бурдо. Совет дәўириниң сабақлары Масихый дини азаплар арқалы туўылды. Масих атанақ ағашта өлим көрди ҳәм Оның өлими исеним тымсалына айланды. Буны масихыйлықтың биринши үш әсири даўамында масихыйларды үзликсиз түрде қуўдалап туратуғын рим ҳүкимети жақсы билди (Константин исенимге келгеннен кейин, империя масихый болмағанша). Советлер заманында қуўдалаўлар Рим империясы заманындағы қуўдалаўлардан бир қанша өзгешеликке ийе болды. Олар үзликсиз болды Кремль хожайынлары Советлер Аўқамында масихый динин түп-тамыры менен суўырып жоқ қылыўға қарар етти. Бир ўақытлары (1930-жылы) елдеги барлық жәмәәтлер жабық болды. Ал жәмәәт имаратлары я жоқ қылынды, я көбинесе туўры келмейтуғын мақсетлерде, яғный аўыл хожалық амбарлары, клублар, кинотеатрлар, ҳәтте, ҳәжетханалар сыпатында қолланыўға берилди. Жәмәәтлерди исениўшилерге қайтарып бере баслағанда, имаратлар сондай аянышлы жағдайда болып, оларды улыўма қайта тиклеў мүмкин емес еди. Олар кеңирек территорияны қамтып алды Советлер Аўқамы жер көлеми бойынша Рим империясынан асып түсетуғын еди. Екинши дүньяжүзлик урыс ақырына жетип, совет армиясы Шығыс ҳәм Орайлық Европада коммунистлик режимди орнатқанда, биринши гезекте жәмәәтлер соққыға ушырады. Қуўдалаўларды философиялық жақтан ақлаў кескинирек болды Бурын хеш қашан да адамзат тарийхында жәмийетте динди түп-тамыры менен жоқ қылыўға ҳәм орайында өз тәғдирин өзи шешетуғын адам туратуғын системаны дүзиўге тырыспаған еди. Егер Неронның заманында қуўдалаўшылар өз ҳәрекетин философиялық мәнисте ақлаўға тырысқанда, онда олар масихыйлықты императордың қарсыласы ҳәм империя пуқарларын әййемги қудайларға қайтарып атыр деп түсиндириўге ҳәрекет еткен болар еди. Қуўдалаўлар ўақтында қолланылған усыллар шеберлирек болды Әййемги дүньядағы қуўдалаўлар тәртипсизирек болған. Ал совет ҳүкимети ўақтында, олар жақсы ойлап табылған ҳәм үзликсиз болып турған. Мысалы: гүман туўдыратуғын адамның үйинде тыңлаўшы үскене орнатылып, олардың телефонлары да тыңланған. Қадаған етилген материалларды басыўда айыплыларды анықлаў ушын, жазыў машиналары рәсмийлестирилген. Буған диний мазмундағы материаллар да кирген. Үгит-нәсият машинасы халықтан қуўдалаўлардың ҳақыйқый екенин жасырған Ўақты-ўақты қуўдалаўлар жеткиликли тәризде жасырылып келинген. Қуўдаланған жәмәәтлердиң жетекшилерин исенимнен қайтыўда айыплаған. «Булар жәмийет азғынлары ҳәм советлерге қарсы элемент. Олар азап шегиўшилер емес, ал жынаятшылар. Өйткени олар билип турып, нызамды бузады», — деген бундай айыплаўлар экуменистлерге қарата айтылған болып, Советлер Аўқамына шет елден келген исениўши жәмәәт ағзалары делегациясына жеткизилген. Бул айыплаўларда бир қыйқым ҳақыйқат бардай, олар ойсызлық пенен жийи-жийи тәкирарланған. Қуўдалаўлар системасының тийкары атеизм болды Батыстағы масихыйлар әдетте келешекти идеалластырған, коммунизм қашан болмасын атеизмнен қутылады ҳәм сол тәризде әдалатлы жәмийет қурыўға жол қояды деп үмит етти. Олар Ленинниң өзиниң пүткил сиясатының орайына атеизмди қойғанына да, оның өз ҳүкимдарлығының басында масихыйларды аяўсыз қуўдалағанына да ҳеш қашан итибар қаратпады. Усы жоқарыда баянланғанлардың ҳәммесинен таң қаларлық жуўмақ шығарыўға болады. Совет ҳүкимети заманында масихыйлардың қуўдаланыўы Рим империясы дәўиринде болған қуўдалаўлардан анағурлым айырмашылыққа ийе. Олар еле де үзликсиз ҳәм шеберлик пенен алып барылып, үлкен жер майданын қамтыды. Бирақ масихыйлықты жоқ қылыў Рим империясы дәўиринде болғаны сыяқлы, бул жағдайда да сәтсизликке ушырады. Егер шайыр римлилердиң жеңилиске ушырағанын: «Сен жеңиске еристиң, о, галилалы», — деп сүўретлеген болса, онда совет атеизминиң қайғылы түрде қыйралыўын баянлаў ушын еле де күшлирек сөзлер керек болды. Бул XX әсирдиң масихыйлығының тарийхын анағурлым байыта алатуғын терең тақырып. Адамзат тарийхының усы дәўиринен қандай сабақлар алыў кереклиги анық шығар деп ойлайман. Биз совет адамының азғынлыққа ушыраған түри жасайтуғын жәмийетти қурыўға болмайтуғын үлгисин алдық. Бул жәмийеттиң қыйралған бөлеклеринде пайда болған белгили Homo soveticus. Усы жанзаттың өз тәғдирин қадағалаўға ҳәрекет етиўи — апатшылыққа апаратуғын ең қысқа жол болып табылады. Оның набыт қылыўшы нәтийжелери және онлаған, мүмкин, жүзлеген жыллар даўамында тәсирге ийе болыўы мүмкин. Россияда болған диний өмир қаншелли минсиз болыўына қарамай, ол руўхый мәнисте өз орнын басатуғын ҳеш нәрсе таба алмады. Усының нәтийжесинде билимлендириў ҳәм мәденияттағы бослықты ҳеш нәрсе менен толтырыў мүмкин емес еди ҳәм сонда адамзат тек тамырсыз емес, ал жүрексиз раўажланып барды. Жаңа түрдеги адамды жаратыў бойынша совет тәжирийбеси жеңилис пенен жуўмақланды. Бирақ усы жеңилистен баҳалы сабақ алыўға болады. Адамзат Қудайсыз жасай алмайды. Ҳәрекет етиўдиң есесине қыйратыўшылық келди, бирақ бул ҳәмме заманлар ушын ақыл-нәсият болып қалды: Қудайды барлық адамыйлық ислердиң орайына қойың! Майкл Бурдо (Michael Bourdeaux) — Костон-Колледждиң (Уллы Британия) илимий хызметкери. 8-қосымша Коммунизмниң қыйралыў тарийхынан «ашық есиклер» хызмети алған сабақлар Шығыс Европа ҳәм бурынғы Советлер Аўқамында коммунизм қыйраған ўақыттан баслап, «Ашық есиклер» хызметиниң хызметкерлери: «Усы еллердиң жәмәәт пенен байланыслы қайғылы тарийхынан қандай сабақ алыўға болады?» — деген саўалды қояды. Қытай, Вьетнам ҳәм Кубаның жәмәәт жетекшилери де усы сораў менен терең қызықсынады. Олар еркинлик келгенде, жәмәәт өмиринде не болатуғынын билгиси келеди. 1-сабақ. Пүткил ел ишинде еркинлик дәрҳал орнатылмайды Коммунизмниң қулаўы ҳәм шегаралардың ашылыўы менен бурынғы барлық шеклеўлер ҳәм қуўдалаўлар бирден тоқтап қалады дегенди аңлатпайды. Коммунистлик режим түп-тамырынан ҳәм ҳәмме жерде жоқ болыўы ушын көп айлар, ҳәтте, жыллар талап етиледи. Пайтахттағы ҳүкимет жаңа сиясатқа ийе болыўы мүмкин, бирақ ўәлаяттағы ҳүкимет және бир қанша ўақыт даўамында ески сиясат пенен жүреди. 2-сабақ. Еркинлик жийи-жийи әдеп-икрамлылықтың дағдарысына алып келеди Мәмлекет шегаралары ашылғанда, елге қәлеген адам кирип келиўи мүмкин. Олар арасында баспашылар, порнография әдебияты саўдагерлери, наркотик искерлери, мафия ҳәм сектантлар да болыўы мүмкин. Шығыс Европа дүкәнларында масихый китаплар пайда болып үлгермей атырып-ақ, олар «Плейбой» журналы ҳәм басқа порнография басылымларына толып кетти. Бузықшылық ашық түрде ислене баслады. 1993-жылдың басында Санкт-Петербургтағы (бурынғы Ленинград) орта ҳәм жоқары класс оқыўшылары менен өткизилген изертлеўлер бузықшылық ислеп, ақша табыў Россияда абырайлы кәсип сыпатында екинши орында туратуғынын көрсетти. Тосаттан еркинлик алған масихыйлар өзлерин жийи-жийи азғырылыўға апаратуғын жаңа түсиник ҳәм нәрселерге дус келеди. Батыс меркантилизми де олардың көпшилигин азғырылыўға апарыўы мүмкин. Бурын қуўдаланған жәмәәт басшылары Батыс пенен туўрыдан-туўры байланысқа түседи ҳәм сонда оларға өз елинде үлкен материаллық қунға ийе болған нәрсени алыў ушын жол ашылады. Тек Мухаддес Китап ҳәм масихый әдебият емес, ал компьютерлер ҳәм автокөликлер де үлкен талапқа ийе. Нәтийжеде көплеген масихый хызметкерлер байлық себепли келетуғын азғырылыўға қарсы тура алмады. 3-сабақ. Жалған тәлийматлар ақыл-ойларды ийелеп алады Және де, толық диний еркинлик адамлардың ақылында албыраўшылық ҳәм түсинбеўшилик пайда еткенликтен, бул шайтанға адамларды Масихтан алып кетиўге жол ашып береди. Темир перде қыйралғаннан соң, Шығыс Европа еллерин Харе Кришна, Иегова гүўалары ҳәм басқа жалған тәлийматлардың елшилери күшли тезлик пенен толтырып жиберди. Берлин дийўалы қулағаннан соң, арадан жетпис еки саат өткенде, Иегова гүўалары өз динине өткизиў ушын Шығыс Берлин турғынларына биринши ҳүжимин жасады. Сол ўақыттың өзинде Шығыс Европа еллеринде үстемликке ийе рәсмий дин тәрепдарлары да өзлериниң жойтылған тәсирин қайта тиклеўге киристи. Ташкентке Тиранадан мусылман елшилери келип, нефть долларларына қайтадан мешитлерди ашып, иймамларды таярлады ҳәм Мухаммедти пайғамбар деп жәриялай баслады. Сауд Арабстаны, Иран ҳәм Туркия Шығыс Европа еллерине мусылман динин алып келиўши баслы еллер болды. Сауд Арабстаны совет Орта Азиясы халқына Қуранның миллион нусқасын саўғаға берди. Дүньяның бул бөлегинде ҳәр ҳәптеде жаңа мешит ашылады. 4-сабақ. Батыс елшилери менен бирге ислесиўдиң жоқ болыўы жәмәәтлердиң бөлиниўине алып келеди Тосаттан Россияға дерлик ҳәр бир елши барғысы келип қалды. «Себеби Ийемиз бизди шақырмақта». Әлбетте, жаңа елшилик ис майданы көплерди өзине тартады ҳәм енди бурын Хош Хабар менен таныс болмаған адамларға хызмет етиў ушын әжайып мүмкиншилик пайда болады. Солай болса да, базы «елшилердиң» мақсетлери ерксиз ойландырды. Бурынғы Советлер Аўқамындағы бийшара аўҳал үлкен қаржыларды жыйнаўға себеп болды. Гейде Шығыс Европа еллериниң масихыйлары Батыстағы туўысқанлар менен мәсләҳәтлеспей турып, сол еллердеги исенимсиз адамлар менен байланысқа түсти. Батыстағы бөлек-бөлек болған протестант ҳәм әсиресе протестант емес жәмәәтлер арасында Хош Хабарды тарқатыў исинде биргеликте мийнет етиўге деген қәлеў тез-тез болмай қалады. Тилекке қарсы, базы Хош Хабар топарлары ҳәм әсиресе батыс елиўиншилери еркинлик алған еллерге жигер ҳәм саў тәлиймат апарыўдың орнына ол жерде былғасық ҳәм бөлиниў пайда еткен. 1990-жылдың ақырында Румынияда үш жүзге жақын ҳәр қыйлы батыс топарлары ҳәрекет етти. Олардың көпшилиги бул елде жумыс ислеў тәжирийбесине ийе емес еди ҳәм, ҳәтте, олар Румынияда көп ўақыттан бери ислеп атырған миссиялардан кеңес те сорамаған еди. Румынияның айырым шопанлары олардың жәмәәтлери сегиз күнниң жетеўинде жәмәәт кафедрасынан ўаз айтыўға мүмкиншилик алыўды қәлеўши, ҳәтте, сондай рухсатты талап етиўши батыс «елшилери» тәрепинен басып алынғанын айтып, шағым жасаған еди. Болгарияда әлле қашан бөлинип кеткен протестант ҳәрекетиндеги жәмәәтлер арасында даўам етип бөлиниўлер пайда болды. Гүллениў туўралы тәлиймат исениўшилерге қыйратыўшы ҳәм бөлип жибериўши тәсирин жасады. Усындай жағдай Эстонияда да болды. Масихыйлықтың ҳәр қыйлы тәлийматлары ҳаққында басланғыш түсиникке ийе болмай турып, батыстың жаңа протестантлары православ қәўимлерин қабыл етпей, олардың үстинен күлди. Буның нәтийжесинде, бүгинги күнде жергиликли протестантлар усылай ойланбай исленген ис себепли азап шекпекте. Бундай аўҳал Сибирь ҳәм Болгарияда да пайда болды. Базы (анығырағы көп) батыс миссиялар өзлериниң Шығыс жәмәәтлеринде беккемленип қалыўы ушын ақша, саяхат етиў мүмкиншилигин ҳәм билим алыўды қолланады. Я қаржы, я саяхат етиў мүмкиншилиги ҳәм жақсы диний билим алыў мүмкиншилигине ийе болмаған Европа масихыйлары өзлерине қандай оқыўды усынып атырғанын ойланып та көрмей, дүнья көриў, батыс колледжинде оқыў ушын ҳәзир ҳәр қандай мүмкиншиликтен пайдаланады. Румынияның айырым шопанлары өз ўатанына қарағанда, енди көп ўақтын АҚШ та өткереди. Батыс масихыйларына ўаз айтыўға бирден ҳуқық бермеў керек. Дәслеп я шопан, егер мүмкиншилиги болса, я жәмәәтке келетуғын адамлар топары келген қонақтың қандай екенин үйренип шығыўы керек. Жәмәәтке жергиликли масихыйларға таныс болмаған адамлар келсе, Мухаддес Руўхтың басқарыўын излеў керек. Көп еллерде дүзилген Мәсләҳәтши кеңеслер мағлыўмат алмасыў ҳәм батыс елшилери арасында бирге ислесиўди кеңейтиў бойынша жүдә пайдалы болды. Бул әсиресе Албанияда дурыс алып барылды. Ал Румыния ҳәм Болгарияда бул кеңеслердиң жумысы сәтсизирек болды. Себеби елге тийкарынан мирәт етилмеген ямаса бирге ислесиўди қәлемеген шөлкемлердиң ўәкиллери келеди. 5-сабақ. Жәмәәт басқарыўшылығында дағдарыс болып өтеди Көп деноминацияларда жәмәәт басқарыўшылығында күшли дағдарыс болып өтти. Жийи-жийи арнаўлы хызмет органлары тәрепинен тайынланатуғын жәмәәтлердиң бурынғы жетекшилериниң орнын исениўшилердиң жаңа әўладынан болған, келисимге келмейтуғын жетекшилер баса алмады. Бурынғы Советлер Аўқамы еллеринде православ ҳәм баптист жәмәәтлеринде басшы орынларды бурынғыдай МҚК (Мәмлекетлик Қәўипсизлик Комитети) тәрепинен тайынланған ески басшылар ийелейди. Румыния ҳәм Болгарияда да сол аўҳал. Бул еллердиң көп жәмәәтлеринде руўхый ояныў жоқ ҳәм бурынғы басшылар өзгермегенше, ояныў жүз бермейди. 6-сабақ. Масихыйлар сиясий тәсирге ийе болмайды Мүмкин, бурынғы сиясий күшлер менен болған сәтсиз тәжирийбе, өзлериниң абырайын төккен масихый жетекшилер ҳәм жәмәәтти мәмлекеттен мәжбүрий түрде айырыў себепли масихыйлар өз елиниң сиясатына тәсир жасайтуғын масихый демократик партияларды дүзбеген шығар. Бул мүмкиншилик Шығыс Европаның ҳәм бурынғы Советлер Аўқамының дерлик барлық еллеринде қолдан берилди. Еркинлик алғаннан баслап, көп мәмлекетлерде жаңа конституциялар қабыл етилди. Масихыйлар бул ўақыяда жасырылған үлкен мүмкиншиликлерди қолдан берип алды. Бунда православиядағылар әҳмийетли роль ойнаған шығар. Себеби исениўшилер бар болған ҳүкиметти я былай, я олай қабыл етиўге үйренген. Буның нәтийжесинде басламаның жоқлығын ҳәм жәмәәттиң ислериниң демократик көз қараслар менен сәйкес болмаўын байқаўға болады. Деген менен, бул жерде айырым өзгешеликлер бар. Россияда бурын қамақта болған православ руўханийи Глеб Якунин Парламент ағзасы болып табылады. Румынияда да баптист шопаны Петр Дугулеску де усындай жағдайда. Мусылманлар сиясатқа оннан де жеңилирек түрде араласатуғын шығар. Советлер Аўқамының базы Орта Азия республикаларында олар биринши болып ислам сиясий партиялары менен топарларын шөлкемлестирди. 7-сабақ. Коммунизмниң қулаўы диний еркинликке кепиллик бермейди Ҳүкимет қурамындағы өзгерислер турақлылыққа алып келмейди. Олар диний еркинликти тәмийинлемейди. Бизлер ислейтуғын еллерде еки жақтан қәўипти байқаўға болады. Олар: ислам фундаментализми ҳәм рәсмий жәмәәтлердиң менменлиги. Мысалы: рәсмий жәмәәт болған православ жәмәәти тәрепинен. Өзбекстандағы мусылманшылықтың тәсири Хош Хабар тарқатыўды қадаған етиў ҳәм балалар арасында масихыйлық ислерди алып барыўды қадаған етиўши нызамларды киргизиўге алып келди. Протестант ҳәм католик жәмәәтлери шама менен кишкене көлемлерде Россияда, Украинада, Румынияда ҳәм Болгарияда православ бийликлердиң нызамсызлықларына әлле қашан дус болды. 8-сабақ. Жергиликли миссиялар ҳәм Хош Хабарды жәриялаў ушын кең мүмкиншиликлер пайда болады Бурын жабық болған еллерде ҳәм диний еркинлик шекленген мәмлекетлерде жергиликли хызметлердиң пайда болыўы көбинесе соңғы жылларда ең жақсы қубылыслардың бири болып табылады. Енди жәмәәттиң жумысына мәмлекет тосқынлық туўдырмағанлықтан, исениўшилер набыт болып атырған дүньяға ўаз айтыў мүмкиншилигинен пайдаланды. Ғәрезсиз мәмлекетлер аўқамындағы диний еркинликлер тараўы бойынша қәнийге Анита Дейнеканың (Anita Deyneka) тастыйықлаўынша, усы ўақыт ишинде ол жерде мыңнан аслам жергиликли хызметлер дүзилди. «Ашық есиклер» олардың гейбиреўлериниң бурын ҳеш қашан Хош Хабарды еситпеген адамлар менен ислесип атырғаны ҳаққында мағлыўмат алды. Бурынғы Советлер Аўқамы еллериндеги балалар ушын Мухаддес Китаптың миллион нусқасын жеткизип берген «Ашық есиклер» хызмети көлеминдеги «Самуел» жойбары Россия, Сибирь ҳәм Украинада дүзилген жергиликли хызметлер менен тығыз бирге ислесиўде алып барылды. Бизлер бүгин руслар, белоруслар ҳәм украинлар Батыстан келген қонақларға қарағанда өз еллериниң халқына Хош Хабарды тәсирлирек жәрияламақта деп санаймыз. Буннан тысқары, оларда тил машқаласы жоқ болып, олардың ҳәрекетлери аз қаржыны талап етеди. Жәмәәтлерди өзлериниң елшилик жумысын баслаўға шақырыўға болады. Биз жергиликли хызметлер менен бирге ислесиўди орнатыўымыз ҳәм оларды әдебият, баспа үскене ҳәм басқа материаллар бойынша қоллап-қуўатлаўымыз тийис. * * * Масихыйлар көп ўақытлардан бери әрман еткен еркинлик жәмәәтте болған барлық машқалаларды бирден шешип бермейди. Тезлик пенен шешиў керек болған жаңа сораўлар да пайда болады. Улыўма алғанда, күшли, саў ҳәм өсип баратырған жәмәәт ушын еркинлик ең баслы нәрсе емес. Бул батыс жәмәәтлер түскен аўҳалдан анық көринеди. Көплеген еркин еллерде масихыйлардың саны азайып бармақта. Ал жазалаўшы тәртипке ийе еллерде болса, исениўшилердиң қыйын жағдайы тез-тез жәмәәттиң өсиўине алып келеди. Қытай буған исенимли мысал бола алады. Албаниядан басқа барлық Шығыс Европа еллеринде онлаған жыллар даўамында күшли Хош Хабар жәмәәти ҳәрекет еткен. «Ашық есиклер» хызметинде болған бизлер бир ўақытлары жабық болған бул еллерге өзимиздиң Хош Хабар тәлийматымызды алып барыў керек деп есапламаймыз. Бул аймақтағы жәмәәт жетекшилердиң жаңа әўладына мүтәж. Бул жетекшлерди өз еллеринде тәрбиялаған мақул. Батыслы масихыйлар Шығыс Европаға келгенде иске деген дурыс қатнас пенен келгени жүдә әҳмийетли. Қалай жасаў ҳәм қалай жумыс ислеўди үйретиў ушын бизлердиң ол жерге барыўымыздың ҳәжети жоқ. Мүмкиншилик болса, жергиликли жәмәәтлерге ўаз айтыўға жәрдем етип, олар менен бирге ислесиў тийис. Ийса — бизиң тийкарымыз, жәмәәт қурылған жартас. Бизиң руўхый жағдайымыз қандай елде, еркин я жабық елде жасаўымызға байланыслы емес. Келиңлер, өзлеримизди қоршаған жағдайларға дыққатымызды жәмлемейик. Ал көзлеримизди «исеним басшысы ҳәм иске асырыўшысы болған» Оған тигейик. ЖУМЫС ДӘПТЕРИ Кирисиў Қуйын турып, залымлар жоқ болар, Әдиллер мәңги беккем турар. Сулайманның ҳикметлери 10:25 1. Сулайманның ҳикметлери (10:25) китабын өз сөзиңиз бенен айтып бериң ҳәм бул аят бойынша өз вариантыңызды жазың. 2. Не ушын масихыйлар өзлерин тәшиўишсиз өмир кешириў керек деп ойлайды? 3. Юхан жазған Хош Хабар (6:13): «Бул дүньяда қыйыншылық көресизлер, бирақ мәрт болыңлар, Мен дүньяны жеңдим!» Сиз бул аятты қалай түсинесиз? Ефеслилерге жазылған хатты оқыңлар (16:13): «Сонлықтан жаман күнде оларға қарсылық көрсете алыўыңыз ушын ҳәм толық жеңиске ерискениңизден соң, беккем тура алыўыңыз ушын, Қудайдың барлық саўыт-қуралларын тағып алыңлар» (астын мен сыздым — П. Э. Дж. К.). Және де, биз Ийсаның мына сөзлерин де умытпадық: «Солай етип, Мениң усы сөзлеримди тыңлап, оларды орынлаўшылардың ҳәр бири өз үйин жартас үстине салған ақыллы адамға уқсайды. Жаўын жаўып, дәрьялар тасып, самал есип, бул үйди соққылады, бирақ ол жартас үстине салынғанлықтан қуламады» (Матта 7:24–25). 4. Масихыйлардың ҳәр қандай жағдайда беккем тура алыўының сыры неден ибарат? 5. Өз өмириңизде бастан кеширген «даўыллар» ҳаққында сөз етип бериң. Ийса бизлерге даўыл самалларының бетимизге урмайтуғынын ўәде еткен жоқ, бирақ Ол беккем тийкар үстине салынған үй ҳәр қандай даўылға төтепки бере алатуғынын айтып, исендирген еди. Беккем тийкар деген сөзлер арқалы бизлердиң Ийсаның сөзлерин тек еситкенимиз емес, ал оларға бойсынғанымыз да нәзерде тутылады. Қудайдың сөзине усылай бойсыныў арқалы биз ең қыйын қуўдалаўларда беккем тура аламыз. Бизиң курсымыздың мақсети — өзимизге ҳәр қандай жағдайға төтепки бере алыўымызға жәрдем беретуғын, өмиримиз ушын әҳмийетли болған Мухаддес Китап ҳақыйқатларын табыўдан ибарат. 6. Қуўдалаўлар арқалы келетуғын сынақлар ўақтында жақсырақ өзлестирилетуғын бес сабақты сүўретлеп бериң). 1) 2) 3) 4) 5) Қудай бизлерге барлық қыйыншылықларымызда жубаныш береди. Солай етип, бизлер де Қудайдан алған жубаныш пенен ҳәр қыйлы қыйыншылықларда болған адамларға жубаныш бере аламыз (Коринф. 2-х. 1:4–5). 7. «Бизде Масихтың азаплары қалай көбейип баратуғынын» түсиндирип бериң. Бизиң қолланбамыздағы ҳәр бир сабақ биз қуўдаланған деп атаўшы жәмәәт масихыйларының тири гүўалығынан ибарат. Олар бизиң нәзеримизде кем-кемнен азатлығы азайып баратырған еркин дүньяда жасап атырған туўысқанлар менен өз тәжирийбесин бөлиседи. Бизиң пикиримизше, олардың гүўалықлары барлық масихыйлар ушын руўхый жаңаланыўдың туқымларына ийе. Мухаддес Жазыў Қудайдың бир мақсетти гөзлейтуғынын, яғный Оның бизди Өз Улының сыпатына уқсатып өзгертип барыўға умтылатуғын үйретеди. 8. «Оның Улының сыпаты» деген нени аңлатады? (Марк 10:45 ке қараң). Масихыйлықтың ең белгили нышанлары атанақ ағаш, балық ҳәм Мухаддес Руўхтың тымсалы болған кептер болып табылады. Ең белгисиз ҳәм онша туўры келмейтуғын тымсаллардың бири сүлги болып, Ийса кишипейиллик пенен хызмет етип, Өз шәкиртлериниң аяқларын жуўғанда, олардың аяқларын усы сүлги менен сүрткен еди. 9. Хызметтеги әскердиң қандай жақсы қәсийетлерин атап өте аласыз? Исеним азаплардан азат ете алмайды. Бирақ ол бизге азапларда жеңиске ерисиўге бәрқулла күш береди. 10. Исенимге жақында келгенлерге исенимниң не екенин қалай түсиндирип бере аласыз? 1980-жыллары «Ашық есиклер» хызметиниң хызметкери тез өсип баратырған үй жәмәәтиниң идеологы болған, Вьетнамдағы бир шопанды барып көрген еди. Ол ҳүкимет шопанды қамаққа салатуғынын билдирип, қорқытып атырғанын билди. Сонда шопан бизиң кәсиплесимизге: «Буның қашан болмасын жүз беретуғынын билемен. Егер мени қамаса, не қылыў кереклиги бойынша, мен өз адамларымды таярлап қойыппан. Мен буған таярман», — деген еди. 11. Вьетнам шопанының жуўабы оның жазаларға таяр екенлигиниң үш тәрепин қалай көрсетеди: •ақыллылық •тәжирийбе •руўхыйлық I БӨЛИМ Атанақ ағаш Биринши бап Бизиң теңи-тайы жоқ Қутқарыўшымыз Ийса Масих кеше, бүгин ҳәм мәңгиликке бирдей. Еврейлерге 13:8 Насыралы Ийсаның теңи-тайы жоқ екенин тастыйықлайтуғын үш минезлемени атап өтиң: 1) 2) 3) АЗАП ШЕГИЎШИ ХЫЗМЕТШИ Ол дүньяға Өзине хызмет еттириў ушын келмегенин айтқан еди. Ол Патша болғанлықтан, толық бийликке ийе еди ҳәм буған ҳақылы еди. Керисинше, Ол хызметши болыўға келди (Филип. 2:7 ге қараң). Ийшая пайғамбардың китабы тийкарында (52:13–53:12) Насыралы Ийсаның қул дәрежесин тастыйықлайтуғын бес минезлемени атап өтиң. 1) 2) 3) 4) 5) Ийшаяның пайғамбаршылығындағы қосық туўрыдан-туўры азап шегиўши Ийсаны нәзерде тутады. Тағы да, бул үзиндиден Қудайдың еркине қулақ асыў, өз атанақ ағашымызды қабыл етиў Ийсаның шәкиртлерине тийисли екени анық көринеди. Мухаддес Китапта атанақ ағашқа шегелениў ҳаққында сөз етилген. Олардың ҳәр бирин түсиндирип бериң: 1. Аян 17:14; 19:7–10; 5:6; 2. Галат. 2:19–20; 3. Галат. 6:14. ӨЛИМНЕН ТИРИЛГЕН ИЙЕМИЗ 1. Азап шегиў — Хош Хабардың орайлық тақырыбы. Атанақ ағашқа шегелениў болмаса, өлимнен тирилиў де жоқ. 2. Ийемиз өлимнен тирилиўди бизлер ушын қол жетерли қылды. Бирақ өлимнен тирилиў тек атанақ ағаштан кейин ғана келеди. Филиплилерге жазылған хатта (3:10–11) былай деп жазылған: «Қәне енди, Масихтың Өзин ҳәм Оның қайта тирилиўиниң күшин билип алсам. Оның азапларына қатнасып, өлимине де шерик болсам. Солай етип, түбинде өлимнен қайта тирилиўге ериссем». Бул аяттың мәнисин исенимге жақында келген адамға түсиндириң. «Масих тирилмеген болса, онда сизлердиң исенимиңиз бийкар болады ҳәм сизлер еле гүналарыңыздың бийлиги астында жасап атырған боласызлар» (1 Коринф. 15:17). Егер Ийса өлимнен тирилмеген болса, не ушын бизиң исенимимиз бийкар болады? КИЯТЫРҒАН ПАТША «Ийшая пайғамбардың китабындағы 53-бапта азап шеккен қулдың образының толық мәнисин тек Ийсаның атанақ ағашқа шегеленгенин түсинип жеткенде ғана түсиниўге болады. Сол сыяқлы, 54-баптағы қуўаныш алып келиўши зүрәәтти Елиўинши күни жәмәәттиң туўылғанын түсинип жеткеннен кейин ғана түсиниўге болады. Руўхый зүрәәт қуўаныш сезимине жақын, ол — Хош Хабардың ўәдеси болып табылады ҳәм оның тийкарында Хош Хабардың ўазы себепли Масихтың дүньяжүзлик жәмәәти жыйналады» (Патрик Джонстон). «Маған аспанда да, жерде де пүткил бийлик берилген» (Матта 28:18). Сиз ушын бул сөзлер нени аңлатады? Туўысқанымыз Андрей былай деген еди: «Өзиниң пүткил бийликке ийе екенин тастыйықлаў арқалы, Ийса биз ушын урыс майданын белгилеп берип, руўхый келиспеўшиликте мақсетлерди орнатқан. Ол гүна жәрдеминде шайтан услап турған адамларды мәденият, тил, ҳәтте, мәмлекетлик шегараларды қолланыў арқалы қутқарыў ушын, Өз шәкиртлерин душпан жерине жиберди». БҮГИНГИ КҮНДЕГИ АТАНАҚ АҒАШ ЖОЛЫ Ҳиндистанлы елши Садху Сундар Сингх (Sadhu Sundar Singh) өз күнделигине мына сөзлерди жазған еди: «Масих ушын өлиў аңсат. Бирақ Ол ушын жасаў қыйын. Өлим азабы бир яки еки саат даўам етиўи мүмкин, бирақ Масих ушын жасаў — ҳәр күни өлиў дегенди аңлатады». Арқа Америкадағы исениўшилер Римлилерге жазылған хаттан (8:28) үзинди келтириўди жақсы көреди: «Қудай Өзин сүйетуғынларға, яғный Оның қәлеўи бойынша таңланғанларға ҳәмме нәрсени жақсылық қылып хызмет еттиретуғынын билемиз». Ал Қытайдағы исениўшилер басқа аятты келтирип өтиўди жақсы көреди: «Бизлер Сениң ушын ҳәр күни өлтирилмектемиз. Бизлерди шалынатуғын қойлар деп есаплайды» (Рим. 8:36). Қуўдалаўлар менен азапларға байланыслы қолланыўда усы еки аят арасындағы айырмашылық неден ибарат? Талқылаў ушын сораўлар: 1. Азап шегиўши қулдың қосығы тийкарында, Ийсаның өлимин ҳәм өлимнен тирилиўин қалай түсиндиресиз? 2. Азап шегиўши қулдың қосығы қандай сөзлердиң жәрдеминде бизге Қудайдың кеширими менен сүйиспеншилигине деген исеним береди? 3. Сиз ушын мына сөзлер нени аңлатады: а) өзимизден кешиў; б) ҳәр күни өз атанақ ағашымызды алып жүриў; в) Ийсаның изине ерип жүриў (Лука 9:23 ке қараң). 4. Биз Мухаддес Руўхтың күши менен қалай бәрқулла руўхлана аламыз? 5. Масихтың бийлиги ҳәм Оның бизлер менен бирге болатуғынын айтқан ўәдеси бизиң бойсыныўымызға ҳәм Оның соңғы тапсырмасын орынлаўымызға қалай тәсир жасайды? Түсиндирме: Оқың ҳәм ядлап алың: МЕНИҢ ПАТШАМ Ийса Масих — бул дүньяда болған адамлар ишиндеги ең уллы тулға. Ол — Қудайдың Улы. Ол — гүнакарлардың Қутқарыўшысы. Ол мийримли ҳәм Ол қутқарады да. Ол қорғайды ҳәм Ол баслап жүреди де. Ол азғырылыўға ҳәм сынаққа түскенлерге жәрдем береди. Ол ҳәлсизлерге күш береди. Ол аўырыўларды шыпалайды. Ол жәбир шеккенлерди жақлайды. Ол жасларды жарылқайды. Ол қартайған адамларға ғамхорлық көрсетеди. Ол инталы адамларды сыйлықлайды. Ол кишипейиллерге жубаныш береди. Ол — даналық ғәзийнеси. Ол — қутқарылыў жолы. Ол — ҳақлық ҳәм мухаддеслик жолы. Екинши бап Бизиң теңи-тайы жоқ шақырылыўымыз Өйткени Қудай сизлерди усы ушын шақырды. Масихтың Өзи сизлер ушын азап шегип, Оның изинен жүриўиңиз ушын өрнек көрсетти. Петрдиң 1-хаты 2:21 Мухаддес Китапта масихыйлардың барлық адамлардың тәғдиринде болатуғын азаплардан қорғалмағаны айтылған. Буған қосымша, оларға Масихқа деген исеними ушын қуўдаланыўға ушыраўға да туўры келеди. • «Ҳақыйқатында, Масих Ийсаға тийисли болып, Қудайдың жолы менен жасаўды қәлеўшилердиң ҳәммеси де қуўдаланады» (Тимоф. 2-х. 3:12). • «Өйткени Қудай сизлерди усы ушын шақырды. Масихтың Өзи сизлер ушын азап шегип, Оның изинен жүриўиңиз ушын өрнек көрсетти» (Петр. 1-х. 2:21). • «Егер дүнья сизлерди жек көрсе, сизлерден алдын оның Мени жек көргенин билиңлер. Себеби олар Мени Жибергенди билмейди» (Юхан 15:18–21). • «Ҳәтте, сизлерди өлтирип атырған ҳәр бир адам буның менен Қудайға хызмет етип атырман, деп ойлайтуғын ўақыт келеди» (Юхан 16:2). АЗАП ШЕГИЎДИ ҚӘТЕ ТҮСИНИЎ Азап шегиў ҳаққында кең тарқалған алты қәте пикирди атап өтиң: 1) 2) 3) 4) 5) 6) Сизиңше усы қәте пикирлердиң қайсы бири ең көп тарқалған болып табылады? Не ушын булай ойлайтуғыныңызды түсиндирип бериң. Мухаддес Китапта Қудайдың Өз халқының өмиринде азап шегиўге жол қоятуғынының ең кем дегенде жети себеби атап өтилген. Төменде усынылған үзиндилердиң ҳәр бирин оқып шығып, усы аятлардың мәнисин түсиндирип бериң: • Петр. 1-х. 1:6–7; 5:10; • Коринфлилерге 2-х. 12:7–10; • Еврейлерге 12:3–10; • Филиплилерге 1:14; • Коринфлилерге 1-х. 3:12; • Юхан 17:23 ҳәм Елшилердиң ислери 2:42–47; • Елшилердиң ислери 8:1–4. «Бизиң турақлылығымыздың сыры машқалалардың жоқлығы ҳәм гүллениўден емес, ал қуўдалаўларды даналық пенен қабыл етиўден ибарат болып табылады». Биз Мухаддес Китапта ушырататуғын азап шегиў ҳаққында жети қағыйданы оқып шығып, жоқарыда келтирилген тастыйықлаўды не ушын мақуллайтуғыныңыз яки мақулламайтуғыныңызды түсиндирип бериң. Өз тәжирийбеңизден исениўшилердиң өзлерин қоршаған адамлардың мәдениятына ҳүрметсизлик көрсеткени ушын қуўдалаўларды пайда еткени туўралы мысалларды келтирип өтиң. Егер сиз оларға үш кеңес бере алғаныңызда, не деген болар едиңиз? 1) 2) 3) Төменде келтирилген үзиндилерде сиз ушын «қысым» ямаса «қуўдалаўлар» түсинигин ашатуғын сөзлердиң астын сызың (яки оларды қәлем менен айландырып сызып қойың). Өзи қуўдаланғанда, Павел қандай қатнаста болып, не ислеген? «Олар Масихтың хызметкерлеримиз дей ме? Ақылдан азған адам сыяқлы айтып атырман: мен Масихқа олардан гөре көбирек хызмет еттим. Мен оларға қарағанда көбирек мийнет еттим, көп мәртебе қамақта болдым, сансыз рет таяқ жедим ҳәм талай мәртебе өлим менен жүзбе-жүз ушырастым. Яҳудийлерден бир кем қырқтан, бес рет қамшы жедим. Үш мәртебе таяқ жедим, бир мәртебе тас пенен урды. Үш мәртебе кемеде апатқа ушырап, бир күн, бир түн теңизде ығып жүрдим. Көп мәртебе сапарға шыққанымда, қәўип астында болдым: дәрьялардағы суў тасқыны себепли, қарақшылар себепли, өз миллетимниң адамлары себепли ҳәм басқа миллет адамлары себепли, және қалада, шөлде, теңизде ҳәм жалған туўысқанлар себепли қәўип-қәтерге ушырадым. Аўыр мийнет етип, қыйыншылық көрдим. Көп түнлерди уйқысыз өткиздим, ашлық ҳәм шөлди басымнан кеширдим. Талай мәртебе аўқатсыз қалып, суўықта кийимсиз болдым. Булардың ҳәммесинен тысқары, күн сайын барлық исениўши жәмәәтлердиң ғам-тәшиўишлери еңсемди басып, мени ойландырады. Қайсы дәрменсизлер менен, мен бирге дәрменсизленбедим? Қайсы азғырылған адам ушын, мен күйип-жанбадым? Сизлер мени мақтаныўға мәжбүр еткениңиз себепли, мен ҳәлсизлигимди көрсеткен нәрселер менен мақтанаман. Ийемиз Ийсаның Әкеси, мәңгиге алғысланатуғын Қудай биледи: мен өтирик сөйлеп атырған жоқпан. Мен Дамаск қаласында болғанымда, Аретас патшаның қол астындағы бир ҳәким қала дәрўазасын қараўыллатып, мени қолға алмақшы болды. Бирақ, исениўши туўысқанларымыз мени себетке салып, қала дийўалындағы терезеден түсирип жиберди ҳәм мен усылай етип оның қолынан қашып қутылдым. Мақтаныўдың ҳеш қандай пайдасы жоқ болса да, енди мен Ийемиз көрсеткен көринислер ҳәм аянлар ҳаққында айтпақшыман. Мен Масихқа исенетуғын бир адамды таныйман. Ол буннан он төрт жыл бурын денеде болды ма ямаса денеден шығып руўхта болды ма, мен буны билмеймен, Қудай биледи. Бул адам ҳаққында мынаны билемен: ол жәннетке көтерилип апарылды. Ол сол жерде айтып жеткизиў мүмкин болмаған ҳәм адам баласына айтыўға рухсат етилмеген сөзлерди еситти. Бирақ ол денеде болды ма ямаса денеден шығып, руўхта болды ма, билмеймен, буны Қудай биледи. Мен усындай адам менен мақтанаман. Бирақ өзиме келсем, тек өзимдеги ҳәлсизликтен басқа ҳеш нәрсем менен мақтанбайман. Мақтаныўды қәлеген жағдайымда да ақылсыз болмайман. Өйткени мен ҳақыйқатты айтып атырман. Бирақ, ҳеш ким мен туўралы ҳәдден тыс жоқары пикирге ийе болмай, мени тек меннен еситкенлери ямаса көргенлери бойынша баҳалаўы ушын, мен өзимди мақтаныўдан тыйып атырман. Қудайдың маған берген әжайып аянлары себепли өзимди жоқары тутпаўым ушын, Ол денеме бир тикен, яғный мени қыйнайтуғын шайтанның бир периштесин берип, мени менменликтен сақлап киятыр. Буны меннен алып таслаўды сорап, Ийемизге үш мәртебе жалбарынған едим. Бирақ Ийемиз маған: «Саған берген мийримим жетеди. Себеби Мениң қүдиретим ҳәлсизлик арқалы толық көрсетиледи», — деди. Сонлықтан Масихтың қүдирети менде болсын деп, мен ҳәлсизликлериме еле де көбирек қуўанып, олар менен мақтана беремен. Сол себептен Масих ушын ҳәлсизликлерге, масқараланыўға, мүтәжликлерге, қуўдаланыўға ҳәм қыйыншылықларға ушырағанымда, мен қуўанышлыман. Өйткени мен қашан ҳәлсиз болсам, сонда күшлимен» (Коринф. 2-х. 11:23–12:10). Роллерге бөлинип, шынығыў өткизиў: Сиз — душпан аўҳалда жасаўшы исениўшисиз. Әтирапыңыздағыларға сүйиспеншилик көрсетиўге ҳәрекет еткениңизге қарамай, әтирапыңызда өзлериниң исениминен айрықша болған исенимге ийе болғаныңыз ушын сизди жек көретуғын көп адамлар бар. Буннан тысқары, сизиң үйиңизде масихый жәмәәт ағзалары жасырын жыйналыс өткизеди. Күнлердиң биринде, азан менен қоңсыларыңыз үйиңизге бастырып кирмекши болады. Кейин, полиция келип, еки тәрепти де тыңлап көреди. Полиция хызметкерлери сизди бөлимге өзлери менен жүриўди (ол жерде сизди сабайтуғынынан хабарыңыз бар) ямаса қоңсыларыңызды судта бериўди усыныс етеди. Сиз нени таңлайсыз? Не ушын? Жеке тапсырмалар: 1. Есиңизге түсире алғаныңызша, қуўдалаўлар ҳәм азап шегиўлер ҳаққында сөз етилген аятларды ядтан айтып бериң. 2. Мухаддес Китап қаҳарманлары ҳәм олардың қуўдалаўларға деген қатнасы ҳаққында сөз етип бериң. Талқылаў ушын сораўлар: 1. Өзлериниң исениўши емес жақынларына қарағанда, масихыйлар өз өмиринде көбирек азап шегиўди күтиўи керек пе? 2. Сиз азап шегиўлер ҳаққында қәте пикирлерге ийе болдыңыз ба? Қандай пикирлерге? 3. Азап шегиўлер ҳаққында Мухаддес Китап тәлийматының қайсы тәреплери бойынша сиз бурын ҳеш қашан ойланып көрмеген едиңиз? 4.Азап шегиўлер туўралы Мухаддес Китаптағы тәлиймат Қудайдың бизди сүйетуғыны ҳәм Оның бизиң өмиримизде тек жақсылық болып хызмет ететуғын нәрселердиң болыўына жол қоятуғыны бойынша тастыйықлаўға қалай туўры келеди? 5. Дүньяның машқалалы аймақларындағы аяўсыз азап шегип атырған масихыйларды биз қалай қоллап-қуўатлай аламыз? Биз олардан нелерди үйрене аламыз? Түсиндирме: Үшинши бап Қуўдалаўларға деген қатнас Жаманлыққа жаманлық, ғарғысқа ғарғыс пенен жуўап қайтармаңлар. Керисинше, жақсылық пенен жуўап қайтарыңлар. Себеби Қудай сизлерди бул ушын шақырған. Петр. 1-х. 3:9 МУХАДДЕС КИТАПТЫҢ АЗАП ШЕГИЎГЕ ДЕГЕН ҚАТНАСЫ Биз ҳәмме нәрсени шүкирлик пенен қабыл етиўимиз тийис. Өйткени бул Қудайдың ерки болып, ол ушын Қудай бизди Өзиниң өлимнен тирилген күши менен тәмийинлейди. Бир дана ойшыл өмир жигирма пайыз ис-ҳәрекеттен ҳәм сексен пайыз қатнастан ибарат екенин айтқан еди. Мухаддес Китап ҳақыйқый қуўдалаўлар менен азапларға масихый қандай қатнаста болыў кереклигин үйретеди. Усы тәлийматтың айырым анық тәреплери төмендегилерден ибарат: 1. Ҳайран қалмаңлар! (Петр. 1-х. 4:12–13) 2. Қуўаныңлар! (Матта 5:11–12) 3. Миннетдаршылық пенен дуўа етиңлер (Филип. 4:6) Өзлериңизди қуўдалаўшылар ушын да дуўа етиңлер (Матта 5:44) 4. Азаплардың тийкарын анықлаңлар (Петр. 1-х. 4:15–19) 5. Азаплардан уялмаңлар (Петр. 1-х. 4:16) 6. Масих азапларға қандай қатнаста болған болса, сизлер де сондай қатнаста болыңлар (Матта 5:38–48) 7. Қудайға исениңлер! (Петр. 1-х. 4:19) Егер исениўшилер Ийса ушын азап шегиў әпиўайы ис ҳәм пүткил дүнья жүзиндеги масихыйлар усындай аўҳалға түседи деп түсинсе, онда олар күшли қоллап-қуўатлаў алады. 8. Беккем турыңлар ҳәм бирликли болыңлар (Коринф. 1-х. 12:20–27) ТАЯР БОЛМАҒАН МАСИХЫЙЛАРДЫҢ БОЛЫЎЫ МҮМКИН БОЛҒАН ҚУЎДАЛАЎЛАРҒА ДЕГЕН ҚАТНАСЛАРЫНЫҢ ТҮРЛЕРИ Исениўшилер қуўдаланбайтуғын еллерде олар қуўдалалаўларға бийпәрўа қарайды. Сизиң пикириңизше, не ушын исениўшилер қуўдалаўлар тилге алынғанда, келеси сөзлерди айтады: 1. «Бизлерде бундай болыўы мүмкин емес» 2. «Бизиң заманымызда қуўдалаўлардың болыўы мүмкин емес» 3. «Қудай бундай нәрсеге жол қоймайды» 4. «Бизлерге бул ҳаққында ойлаўға ўақыт жоқ» Көплер қуўдалаўлар кең көлемде улыўма болыўы мүмкин емес деп есаплайды. Себеби «Конституция ҳүждан еркинлигине кепиллик береди» яки «бизиң елимизде жәмәәтлер жүдә көп». ТАЯР БОЛМАҒАН МАСИХЫЙЛАРДЫҢ ҚУЎДАЛАЎЛАРҒА ДЕГЕН ҚАТНАСЛАРЫНЫҢ ТҮРЛЕРИ Таяр болмаған масихыйлардың қуўдалаўларға деген қатнасының төрт түрин атап өтиң. Усы қатнаслардың ҳәр бирине деген Мухаддес Китаптың жуўабы қандай? 1) 2) 3) 4) Бизиң қуўдалаўлардың қысымы астында ылайықлы ис тутыўымыз Масихтың күшинен ғәрезли болады. Биз өз турақлылығымыз себепли Қудайдан қарыздармыз. ТАЯР БОЛҒАН МАСИХЫЙЛАРДЫҢ ҚУЎДАЛАЎЛАРҒА ДЕГЕН ҚАТНАСЛАРЫНЫҢ ТҮРЛЕРИ Не ушын таяр болған масихыйлардың қуўдалаўларға деген қатнасының төменги үш түри ҳәм Мухаддес Китапқа ҳәм тарийхқа туўры келеди? 1. Олар қашып кетти (буған Қудайдың ерки бар екенин билгенде) (Ел. исл. 8:1–4) 2. Олар қалды ҳәм төтепки бере алды (Забур 42:1) 3. Олар өзлериниң нызамлы ҳуқықларынан пайдаланды (Ел. исл. 22-бап) Үш түрдиң ҳәммесиндеги шектен тыс нәзик нәрсе әдалатлыққа умтылыў, әсиресе басқа адамларға деген қатнаста әдалатлы болыўға умтылыў болып табылады. Масихыйлар ушын әдалатлықты жақлаў тән нәрсе. Әдалатсызлыққа қарсы шығатуғын исениўшилер алдынғы қатарда турып, өзлерин қуўдалаўлар менен қуўғынларға дуўшар етеди. Дүньяжүзлик Хош Хабаршылар аўқамының қуўдалаўларға жуўап ретинде таярлаған жол-жорықларын қайталаң: 1. Азап шеккен жәмәәтти басқа жәмәәт жетекшилери барып көриўи ҳәм олар шопанды ҳәм жәмәәттиң әпиўайы ағзаларын жигерлендириўи. 2. Нызамсызлық исленгени ҳаққында акт дүзиў ҳәм ол ҳаққында дүньяжүзлик жәмийетшиликти хабарландырыў. 3. Азап шеккенлерге қаржылай жәрдем бериў. 4. Исениўшилерди қуўдалаў бойынша мәселени мәмлекетлик дәрежеге шығарыў. Бундай болымсыз ўақыялардың қайталанбаўы ушын, нызам тәртиби дизимин ҳәм жәмийетшилик пикирди қолланыў. 5. Шопанларға ҳәм жәмәәтке келиўши әпиўайы адамларға олардың нызамлы ҳуқықлары ҳаққында мағлыўматты мәлим етип, ҳәр қандай қуўдалаўлар ҳаққында хабарлаўды олардан сораў. 6. Диний еркинлик шегарасында нени ислеў керек ҳәм нени ислемеў кереклиги бойынша мағлыўмат пенен тәмийинлеў. Сиз усы жол-жорықларды мақуллайсыз ба яки мақулламайсыз ба? Не ушын? ЖУЎМАҚ Қудайдың не ушын өмиримизде қуўдалаўлардың болыўына жол қоятуғыны бойынша сораўға берилген жуўаптың бес түри мыналардан ибарат: 1. Қудай қуўдалаўларды бизди бағдарлаў ушын қолланады (Сулайм. ҳикметл. 20:30) 2. Қудай қуўдалаўларды бизди сынаў ушын қолланады (Яқып 1:2–3) 3. Қудай қуўдалаўларды бизди дүзетиў ушын қолланады (Забур 118:71–72) 4. Қудай қуўдалаўларды бизди қорғаў ушын қолланады (Жарат. 50:20). 5. Қудай қуўдалаўларды бизди минсизликке еристирип барыў ушын қолланады (Рим. 5:3–5) Буның мәниси төмендегише: Қудай бизиң өмиримизде, ҳәтте, биз буны түсинбеген ўақытта да ҳәрекет етеди. Бирақ егер биз Оған жәрдем берсек, Оның ҳәрекети еле де тәсирлирек болады. Бул — жеңиске апарыўшы жол! Роллерге бөлинип, шынығыў өткизиў: Сиз аз-маз болса да, еркинликке ийе болған елде жасайсыз. Бирақ сизиң елиңизде масихыйларды жек көреди ҳәм олар сан жағынан аз. Ҳүкимет басына масихыйларға қарсы болған экстремистлер келеди ҳәм олар сизиң қәўимиңизди жоқ қылатуғынын айтып, қорқытады. Олар жасырын түрде жергиликли экстремистлерге ғыжжақ берип, сизиң жәмәәтиңиздиң имаратын жағып жибериўге ийтермелей баслайды. Буннан тысқары, масихыйларды жумыста қысқыға алып, ҳәтте, оларды жумыстан шығарып жибереди. Сиз буған қандай қатнаста боласыз? Сизде қандай жоллар бар? Ҳәр бир жолды иске асырыў ушын не қылыў керек? Талқылаў ушын сораўлар: 1. Усы сабақта келтирилген дәлиллер сизди руўхый түскинликке салыўы мүмкин. Бирақ сиз масихый сыпатында қандай сезимлерге ийе болыўыңыз керек? 2. Масихтан үлги алған ҳалда, күшли қысымға қандай қатнаста боласыз? 3. Бизиң шеккен азапларымыз Масихқа деген садықлығымызды ҳәм Оның бизлер ушын азап шеккени ҳаққында түсинигимизди қалай беккемлей алады? 4. Өз жумысын сақлап қалыў, өзин ҳәм хожалығын қорғаў ушын, масихыйлар исенимин жасыра ала ма? 5. Қалайынша айырым масихыйлар қуўдалаўларға себепши болыўы мүмкин? Сизде бул бойынша жеке мысаллар бар ма? 6. Өзин ҳәм өз хожалығын қорғаў ушын масихыйдың қурал-жарақ ислетиўи нызамға туўры келе ме? Бул ҳаққында Мухаддес Китап не дейди? Усы машқаланы топар менен талқылаң. 7. Қурал-жарақ алып жүриў ямаса оннан бас тартыў бойынша Мухаддес Китап исениўшиниң пуқаралық миннети менен оның жеке жуўапкершилиги арасына айырмашылық қоя ма? Бул сораўды Мухаддес Жазыўдың белгили жерлерине көрсетилген нусқаў менен биргеликте талқылаң. Түсиндирме: II БӨЛИМ Жәмәәт Төртинши бап Жәмәәт дегенимиз не? Масих — исениўшилер жәмәәтиниң, яғный Өз денесиниң басы ҳәм тийкары. Ол ҳәмме нәрседен жоқары болыў ушын, өлилер ишинен биринши болып тирилди. Колосалыларға 1:18 Коринфлилерге жазылған биринши хат (3:9; 12:13, 27); Еврейлерге жазылған хат (3:6); елши Юхан жазған Аян китабы (19:7–9; 21:2, 9); Ефеслилерге хат (5:22–33); Матта жазған Хош Хабар (16:13–18) бойынша жәмәәт дегенимиз не? Жәмәәт имарат ҳәм адамлар шөлкеми емес, ал руўхый бирлик болып табылады. Жәмәәтке ким тийисли бола алады? (Петр. 1-х. 2:5, 9; Евр. 4:16 ға қараң) ЖӘМӘӘТКЕ ҚОЙЫЛАТУҒЫН ТИЙКАРҒЫ ТАЛАПЛАР Мухаддес Китаптың жәмәәтке қоятуғын тийкарғы үш талабын сиз билесиз бе? Олар қандай? 1. Юхан 3:1–17 ҳәм Коринфлилерге 5:17; 2. Петрдиң 1-хаты 2:5; Коринфлилерге 1-хат 12:12 ҳәм Матта 18:20; 3. Ефеслилерге 2:22 ҳәм Коринфлилерге 1-хат 12:25–26. ЖӘМӘӘТТИҢ ЎАЗЫЙПАЛАРЫ Ийса Масих Өз жәмәәтине орынлаў ушын бес тийкарғы ўазыйпаны жүкледи. Бизлер Хош Хабар тарқатыўымыз (Матта 28:19 ға қараң), шәкиртлерди тәрбиялаўымыз (Матта 28:20 ға қараң), Қудайдың сүйиспеншилигин көрсетип, адамларға хызмет етиўимиз (Матта 22:39; Ефес. 4:12 ге қараң), бир-биримиз бенен қарым-қатнас жасаўымыз (Ефес. 2:19; Галат. 6:10 ға қараң) ҳәм биргеликте Қудайға сыйыныўымыз шәрт (Матта 4:10; Юхан 4:23 ке қараң). Усы ўазыйпалардың ҳеш қайсысы да биринши дәрежели болмай, олардың ҳәммеси теңдей әҳмийетли. Сиз жәмәәттиң бес ўазыйпасы ҳаққында билгениңизден кейин, Мухаддес Руўх сизден төмендеги тараўлардың қайсысында не ислеў кереклигин ҳәм нени өзгертиў кереклигин сорап атыр? 1. Хош Хабар тарқатыў Егер биз Масихты Ийемиз ҳәм Қутқарыўшымыз деп билиў түсинигине жетип келген болсақ, онда бул әжайып сезимлерди өзлеримиз жақсы көрген адамлар менен сөзсиз бөлисиўди қәлеймиз. Бул бағдарда иске асырыў тийис болған ислер: Сиз Масих ҳаққында жеделлик пенен гүўалық беретуғын адамды (адамларды) атап өтиң. 2. Шәкиртлерди тәрбиялаў Бизиң жақынларымыздың бири Масихқа келиўден-ақ, биз оған Ийемиз бенен қарым-қатнаста өсип барыўға жәрдем бериўимиз тийис. Бул бағдар бойынша иске асырыў керек болған ислер: Ҳәзирги ўақытта сизиң шәкиртиңиз бар ма? 3. Адамларға хызмет етиң Қоллап-қуўатлаўшы яки жигер бериўши сөз ямаса кишкене жақсы ис Масихтағы ер ямаса ҳаял туўысқанымызға душпанның ҳүжимлерине қарсы тура алыў ушын әҳмийетли болыўы мүмкин. Бул бағдар бойынша иске асырыў керек болған ислер: 4. Бир-биримиз бенен қарым-қатнас Масихыйлар ушын биргеликте ўақыт өткизиў, руўхый өмиримиздиң тәжирийбеси менен бөлисиў ҳәм бир-биримизди қоллап-қуўатлаў жүдә әҳмийетли. Бул бағдар бойынша иске асырыў керек болған ислер: 5. Биргеликте сыйыныў Мухаддес Китапта исениўшилердиң Қудайға сыйыныўы тийис екенлиги айтылып, олар буны не ушын ислеўи кереклиги де түсиндириледи. Деген менен, ол жерде қалай сыйыныў кереклиги дерлик айтылмаған. Бул бағдар бойынша иске асырыў керек болған ислер: ЕРТЕ ЗАМАНДАҒЫ ЖӘМӘӘТТИҢ ҮЛГИСИ Жәмәәт исиниң шеклениўи онда сыйыныў бойынша жаңа усыллардың пайда болыўына алып келиўи тийис. Мухаддес Китапта ҳәм сизиң жағдайыңызда табыўға болатуғын жаңа усылларды атап өтиң. Коринфлилерге 1-хат 6:1–8; Коринфлилерге 2-хат 10–11; 9:15 те айтылған Ерусалим ҳәм Коринф жәмәәтлериниң айрықша белгилерин атап өтиң. Ерусалим жәмәәти Коринф жәмәәти Жаңа Келисим заманындағы исениўшилердиң қарым-қатнасы ашықлық, сүйиспеншилик ҳәм бир-биреўге деген ғамхорлық руўхында өткен. Олардың өз ара қарым-қатнасы жыйналыслар, шөлкемлер, белгили бағдарламалардың ислеринен ғәрезли болмаған. Олар бир-бирине жәрдем берген, бири-бириниң аўырманлығын көтерискен, бир-бири ушын дуўа еткен. Бундай өз ара қарым-қатнаслар рим ҳүкиметиниң масихыйларға көрсеткен тосқынлықларына қарамастан, даўам етип раўажланып бара берди. ЖӘМӘӘТТИҢ ХЫЗМЕТИ Жәмәәттиң негизин, ўазыйпаларын ҳәм дүзилислерин түсиниў ушын, келиңлер, балық тутыў иси туўралы ойланып көрейик. • Балық тутыўдың негизи балық тутыў ушын аз қолайлықларды жаратыўдан ибарат болады. Буның ушын еки талапты қандырыў зәрүр: балықты тутатуғын балықшы ҳәм балық керек. Балықсыз балық тутыў болмайды, тек балықшы ҳәм суў болады. • Балық тутыў иси оның мақсетинен, яғный балық тутыўдан ибарат. • Балық тутыў түрлери ҳәр түрли болыўы мүмкин. Бирақ ол тек өзиниң тийкарғы мақсети менен ўазыйпасын орынлаўы шәрт. Балықты қармақ, илмек, тор ҳәм динамит пенен жәрдеминде тутыўға болады. Ҳәзир биз балық тутыўдың нызамлы түрлери ҳаққында емес, ал негизинде дүзилис ўазыйпаны орынлай ма ҳәм негизди иске асыра ма, сол ҳаққында айтып атырмыз. Жағдайды таллаў жәмәәттиң негизи, ўазыйпалары ҳәм ислеў түрине байланыслы алып барылады. • Жәмәәттиң негизи оның жасаўы ушын зәрүр болған аз қолайлықлардан ибарат болып, буның ушын Ийса Масих аты менен жыйналатуғын исениўшилер керек. • Жәмәәттиң ўазыйпалары бес қырлы болып, олар: Хош Хабар тарқатыў (Матта 28:19 ға қараң), шәкиртлерди таярлаў (Матта 28:20 ға қараң), адамларға Қудайдың сүйиспеншилигин көрсетип, хызмет етиў (Матта 22:39: Ефес. 4:12 ге қараң), бир-биреў менен қарым-қатнас (Ефес. 2:19; Галат. 6:10 ға қараң) ҳәм биргеликте сыйыныў (Матта 4:10; Юхан 4:23 ке қараң). • Жәмәәт хызметиниң түрлери ҳәр түрли болыўы мүмкин. Жыйналыслар имарат ишинде, атызда ямаса үйде, екшемби, шемби яки дүйшемби күнлери кешқурын болып өтиўи мүмкин. Ҳәзирги ўақытта биз дәстүрлер ҳаққында сөз етип атырған жоқпыз, ал тек тийкарғы негиз туўралы ҳәм бул түрлери жәмәәттиң баслы ўазыйпаларын орынлай ма ҳәм оның негизин иске асыра ма, усы ҳаққында сөз етпектемиз. Жәмәәтиңиздиң негизин, ўазыйпаларын ҳәм жумыс түрлерин сүўретлеп бериң. Негиз Ўазыйпалар Дүзилислер ЖЕҢИМПАЗ ЖӘМӘӘТ Азиялы жәмәәти жетекшилери усынған жеңимпаз жәмәәт ҳаққында сыпатламаны еске түсириң. Ҳәр бир сыпатламаны 1 ден 10 ға дейинги санлар менен, сизиң жәмәәтиңиз қандай сыпатта көринетуғын болса, сондай қылып, 1 ден баслап жәмәәттиң күшли сыпатларын, ал 10 ға дейин даўам етип раўажландырыў керек болған сыпатларын белгилең. Жәмәәт ҳәр күни Мухаддес Руўхтың күшин билип барады Жәмәәт Масихтың денеси менен қарым-қатнаста болып жасайды Жәмәәт Мухаддес Китапты биледи ҳәм оны қоллана алады Жәмәәт Хош Хабар тарқатыўға салдамлы түрде қатнас жасайды Жәмәәт жәмийет мүтәжликлерине хызмет етиў исине садық Жәмәәт сыртқы (жәмәәтке деген) қадағалаў ҳәм өз үстинен бийлик жүргизиўден ғәрезсиз ҳәм азат болыўы тийис Жәмәәт өзине қарсы күшлердиң күшли ҳәм ҳәлсиз тәреплерин биледи Ол қуўдалаўлар жағдайында да гүўалық бериўши батыл жәмәәт Ол әпиўайы ағзалары ҳәм руўханийлери хызметтиң аўырманлығын өз ара тең бөлисетуғын жәмәәт Ол дуўа етиўши жәмәәт! Роллерге бөлинип, шынығыў өткизиў: Сиз қалай ойлайсыз, өзи кишкене ҳәм ҳүкимет тәрепинен тән алынбаған жәмәәт бул машқалаларды жақсырақ шеше алған болар ма еди? • Еки айдан кейин, Қубла Вьетнам коммунистлер тәрепинен басып алынғанда, бир масихый адам өз достысына былай деп жазған еди: «Бизиң Қудайға хызмет етиў жыйналысларымызда жаңа адамлар пайда болды. Олар бизлерден көп нәрселерди талқылаўды талап етпекте. Негизинде, бизлер тек сыйынып қоймастан, сиясий жыйналысларда болғанындай, пикир де жүргиземиз. Әдетте бизлер жаңа адамлар келсе қуўанамыз. Бирақ бул жағдайда, қәўимимизге жат нәрселер басып кирген болып табылады». Сиз бул жәмәәттеги адамлардың орнында болғаныңызда не қылған болар едиңиз? • Қытайдағы ҳүкимет дәслеп жәмәәтке халық алдында Қудайға хызмет етиў жыйналысларын өткизиўге рухсат етти. Ал кейин ол жәмәәт имаратларын тартып ала баслады. Сол имаратларды емлеўханалар, поликлиникалар, балалар үйлери ҳәм мектеплер орнында пайдаланды. Сизлер қалай ойлайсызлар, усы мекемелерде ислеўши масихыйлар бул жағдайға қандай қатнаста болыўы керек еди? • Қубада Фидель Кастроның ҳүкимети бир неше жәмәәтке рухсат берген. Бирақ олардағы адамлардың саны жүдә көп болып, имаратларға сыймай кетти. Масихыйларға еле де үлкенирек имаратларды қурыўға ямаса жәмәәт имаратының сыртында, ҳәтте, өз үйлеринде жыйналыс өткизиў рухсат етилмеген. Егер жәмәәтке келиўши барлық адамлар пүткил жыйналыс даўамында тик аяқта турыўға қайыл болған болса да (орынды үнемлеў ушын), олардың көбиси имаратқа кире алмай, үйлерине қайтыўға мәжбүр болды. Бундай жағдайда не ислеў керек? • Гейбир мусылман еллеринде масихый эмигрантларға шыдамлылық пенен қатнас жасайды. Бирақ жергиликли исениўшилер өз исеними ҳаққында ашық айта алмайды. Усындай «жасырын» исениўшилерди ҳақыйқый масихыйлар деп атаўға бола ма? Олар жәмәәтке тән болған қәсийетлерди орынлай ала ма? Олар ким менен ҳәм қалай сыйыныў кереклигин қалай шешиўи керек? • Масихыйлыққа душпан болған ҳүкимет исениўшилердиң тәсирин азайтыў ушын, оларды тарқатып жибериўге жийи-жийи ҳәрекет етеди. Кампучия сыяқлы еллерде, пүткил халық жаңа орынларға мәжбүрий түрде көширилип жиберилген еди. Ал Вьетнамда басқа усыл қолланылып, бир хожалыққа қойылатуғын салық төлей алғанынша көбейтилип, кейин хожалық басқа жерге көширилип жиберилген. Бурынғы Советлер Аўқамында усы тәризде көп масихыйлар сүргин қылынған еди. Ҳәзир Сибирь Хош Хабар жеделлик пенен жәрияланған ҳәм масихыйласқан аймақларының бирине айланды. Егер сизиң хожалығыңызды экономикалық жағдайларға байланыслы басқа аймаққа, сиз бирде бир исениўшини танымайтуғын жаққа көшип кетиўге мәжбүрлесе, не қылған болар едиңиз? Талқылаў ушын сораўлар: 1. Масихыйлар бир-бириниң алдында қандай ўазыйпаларға ийе болыўы керек? 2. Бир жәмәәт басшысы Хош Хабарды тарқатыўды былайынша анықлап берди: «Тыңлаўшы Масихты я қабыл ететуғын, я қабыл етпейтуғындай қылып, Хош Хабарды анық ҳәм келисимсиз жәриялаў тийис». Сиз усы анықламаға қосыласыз ба? Сизиң хожалығыңыз Хош Хабарды еситкен бе? 3. Масихый туўысқанларды әтираптағы дүньяға гүўалық айтыў ушын қалай жақсылап ийтермелеў керек? 4. Хош Хабар айтыў қадаған етилген жәмийетте қалай ўаз айтыў керек? Егер сизде руўхый әдебият жоқ болса, бул исти қалай ислеў керек? 5. Басқа масихыйлардан қаржылай жәрдем алыўдың артықмашылығы менен кемшиликлерин талқылаң. 6. Сизиң топарыңызға қандай басқарыўшылық керек ҳәм басшылық хызметти орынлаў ушын адам қандай қәсийетлерге ийе болыўы тийис? 7. Масихыйлар дуўшар болатуғын, жоқарыда келтирилген жағдайларды роллерге бөлинип ойнаң. 8. Азиялы жәмәәт басшылары усыныс еткен жеңимпаз жәмәәттиң он қәсийетин талқылаң. Сиз олардың сөзине қосыласыз ба? Сиз усы дизимге бир нәрсе қосқыңыз келе ме? Түсиндирме: Бесинши бап Қудай масқараланбайды Ҳәмме нәрсени Оған бойсындырып, бағындырды. Оны пүткил барлықтың үстинен қойып, исениўшилер жәмәәтиниң басы қылды. Исениўшилер жәмәәти Масихтың денеси болып, пүткил барлықты толтырып турған Масихтың толылығына ийе. Ефес. 1:22–23 ЖЕРГИЛИКЛИ ЖӘМӘӘТ ПЕНЕН ҲҮКИМЕТТИҢ ӨЗ АРА ҚАРЫМ-ҚАТНАСЫНЫҢ ТҮРЛЕРИ Жергиликли жәмәәтлер менен ҳүкиметтиң өз ара қарым-қатнасларының түрлериниң келеси күшли (+) ҳәм ҳәлсиз (–) тәреплерин санап айтып бериң. 1. Тәртип пенен бирге жасайтуғын жәмәәт (мысалы: Қытайда) (+) (–) 2. Қарсылық көрсетиўши жәмәәт (мысалы: Эфиопия, Польша, бурынғы Советлер Аўқамы, Мьянме, яғный бурынғы Бирма ҳәм Колумбиядағы жәмәәтлер) (+) (–) 3. Жасырын жәмәәт (мысалы: Қытайдағы үй, топар ҳәм хожалық жәмәәтлери) (+) (–) 4. Жәмәәттиң жалған еркинлиги ҳәм оларға қарата айтылған қорқытыўлар (мысалы: Непалда) (+) (–) ЖӘМӘӘТТИҢ ЕПШИЛ СИЯСАТЫ Басқа адамларды бизлер Ийемизге хызмет еткендей хызмет етпегени себепли қабыл етпеўден жүдә сақ болыўымыз тийис. Бул адамлар қуўдалаўлар менен қуўғынларға қандай қатнаста болды? • Самуел (Пат. туўр. 1-к. 16:1–5 ке қараң); • Илияс (Пат. туўр. 3-к. 17:1, 3 ке қараң); • Естер (Естер 7:1–4 ке қараң); • Даниел (Даниел 3-ши ҳәм 6-бапқа қараң); • Ийса (Юхан 8:59; 11:54 ке қараң); • Петр ҳәм Юхан (Ел. исл. 4:18–20 ға қараң). • Павел (Ел. исл. 9:23–30; 13:1–11; 16:22–24; Коринф. 1-х. 9:22 ге қараң); Қуўдалаўлар менен қуўғынларға ерте заманлардағы жәмәәт қандай қатнаста болды? (Евр. 11-бапқа қараң) Душпанлық жағдайларға деген қатнас бойынша Мухаддес Китаптағы бул мысаллар жәмәәттиң ҳәм айырым исениўшилердиң толық епшиллигин көрсетеди. ЖУЎМАҚ Еркинлик шекленген еллердеги жәмәәтлерди рәсмий ҳуқықынан айырыў яки олардың улыўма еркинликке ийе болмаўы қалайынша олардың азат болыўына алып келиўи мүмкин? Роллерге бөлинип, шынығыў өткизиў: Сиз аўыллық жердеги кишкене жәмәәттиң шопанысыз. Күнлердиң биринде, сизге жергиликли көтерилисшилер топарының басшысы келеди. Ол сизди қорқытып, сизден жәмәәттиң ислери менен шуғылланыўды тоқтатыўды талап етеди. Олай болмаса, сизиң үйиңизге (сизиң хожалығыңыз жасайтуғын ҳәм исениўшилер жыйналатуғын жерге) от беретуғынын айтады. Сиз не ислеген болар едиңиз? Сизиң жәмәәтиңиздиң ағзалары не қылған болар еди? Талқылаў ушын сораўлар: 1. Жергиликли жәмәәт усылы усынған төрт вариант ишинде белгили масихый жетекшилер негизинде тек үшеўин таңлай алады. Не ушын? 2. Мухаддес Китаптағы мысалларда келтирилген исениўшилердиң минез-қулқының усылын таңлаўдағы шеклеўлер неден ибарат болды? (Ел. исл. 15:29 ға қараң). Сиз гүўасы болған исениўшилер өзлерине қандай шеклеўлерди қояды? 3. Басқа исениўшилердиң өзлерин бизлерге қарағанда басқаша услап тутыўы ҳәм бизлер де, олар да, яғный еки тәреп те ҳақ болыўы мүмкин екенин түсиниў не ушын әҳмийетли? 4. Қытайдағы бир масихый топар қабыл еткен келеси қағыйданы талқылаң: «Масихтағы барлық масихыйларды сүйиңлер. Бирақ тек өзиңиз сынақларға шыдады деп билген адамларыңызға ғана исениңлер». 5. Егер биз әтирапымыздағы адамлардың көз алдында өз исенимимиздиң сыналыўына шыдай алмаған болсақ, не қылыўымыз керек? Ийсадан танғаннан кейин, Петр не қылған еди? (Матта 26:69–75 ке қараң). Ол Ийсадан танғаннан кейин, ҳақыйқый масихый болып қалды ма? Жеке тапсырмалар: Жәмәәттиң ҳәр бир ағзасынан өз топарын сүўретлеўши схеманы толтырыўды соранлар. Ҳәр бир топардың күшли ҳәм ҳәлсиз тәреплерин салыстырып көрип, олардың топарларда болған мүмкиншиликлер ҳәм оларға қарата айтылған қорқытыўлар менен қалай сәйкес келетуғынына қараңлар. КҮШЛИ ТӘРЕПЛЕР / ҲӘЛСИЗ ТӘРЕПЛЕР БАР БОЛҒАН МҮМКИНШИЛИКЛЕР / БАР БОЛҒАН ҚОРҚЫТЫЎЛАР Түсиндирме: Алтыншы бап Тири жәмәәт Филимонға, және де, апамыз Афияға, бизлер менен бирге Қудайдың әскери болған Архипке ҳәм сениң үйиңдеги исениўшилер жәмәәтине де сәлем жоллаймыз. Филимон 1:1–2 ЖӘМӘӘТТЕ ИСЕНИМНИҢ КӨРИНИЎИ «Қудайдың контрабандисти» сыпатында жақсы белгили болған туўысқанымыз Андрейдиң айтыўынша, ол жәмәәт жетекшилериниң тек еки түрин ғана ушыратқан екен. Олардың бириншилери: «Бул жерде ондай болыўы мүмкин емес» ҳәм екиншилери: «Бизлер бурын бундай нәрсени бул жерде болыўы мүмкин емес деп ойлаған едик», — дейди. Еркин жәмийетте рәсмий тән алынған жәмәәттиң орны ҳәм жуўапкершилиги қандай? ИСЕНИМДИ КӨРСЕТИЎДИҢ СЫРТҚЫ ЖОЛЛАРЫ Еркин жәмийетте ҳәм масихыйлардың мүмкиншиликлери шекленген жәмийетте Хош Хабарды тарқатыў ушын неке қыйыў, жаназа оқыў ҳәм суўға шомылдырыў рәсимлерин қалай қолланса болады? Неке қыйыў Жаназа оқыў Суўға шомылдырыў рәсими ҮЙ ЖӘМӘӘТЛЕРИ Бирақ ерте заманлардағы жәмәәт тек үй жәмәәтлери менен шекленип қалмаған. Исениўшилер Ибадатханаларға, мәжилисханаларға, жыйналыс орынларына, ашық форумларға барған, дәрья бойларында, кемелерде ҳәм басқа орынларда ушырасқан. Жәмәәттиң бес ўазыйпасын кишкене үй жәмәәтинде де орынлаўға болады, деген түсиник руўхландырады. Ал жазалаўшы тәртиплерге ийе болған көп еллерде бул ўазыйпаларды тек меншик үйлерде ғана иске асырыўға болады. Жаңа Келисим бес «үй жәмәәтине» айрықша дыққат аўдарады. Деген менен, олардың саны еле де көбирек болғаны анық (Рим. 16:3–5, 23; Коринф. 1-х. 16:19; Колоса. 4:15; Филим. 1:2 ге қараң). Үй жәмәәтлериниң артықмашылықлары менен кемшиликлерин санап айтып бериң: Артықмашылықлар Кемшиликлер КИШКЕНЕ ТОПАРЛАР Қыйын заманларда да, қолайлы заманларда да, жәмәәт саў болыўы керек. Жаңа Келисим заманындағы ерте жәмәәттиң ислегениндей, жәмәәт өзиниң барлық ўазыйпаларын орынласа ғана саў бола алады (Ел. исл. 2:42–47 ге қараң). Исениўшилердиң кишкене топарлары қарым-қатнас арқалы келеси мақсетлерге қалайынша жетисе алады: • Бир-биреўге хызмет етиў (Галат. 5:13); • Бир-биреўди қабыл етиў (Рим. 15:7); • Бир-биреўди кешириў (Колоса. 3:13); • Бир-биреў менен сәлемлесиў (Рим. 16:16); • Бир-биреўдиң аўырманлығын көтерисиў (Галат. 6:2); • Бир-биреўди туўысқан сыпатында сүйиў (Рим. 12:10); • Бир-биреўди ҳүрмет етиў (Рим. 12:10); • Бир-биреўге жол-жорық бериў (Рим. 15:14); • Бир-биреўге бойсыныў (Ефес. 5:21); • Бир-биреўге ақыл-нәсият айтыў (Салоника. 1-х. 5:11). Кишкене топарлар дүзилиси жәмәәттиң қыйын жағдайларда тек аман қалыўы ушын емес, ал оның өсиўи ушын да жақсы. Дүньядағы адамлар арасынан жетекшилерди таярлаў — қыйын жағдайда да, қолайлы жағдайда да өсип барыўды қәлейтуғын жәмәәт алдына қойылатуғын шәртли талап. Топарларға ийе жәмәәтлердиң артықмашылықлары менен кемшиликлерин санап айтып бериң: Артықмашылықлар Кемшиликлер Роллерге бөлинип, шынығыў өткизиў: Қытай үй жәмәәтлери үлгиси бойынша ис тутың: 1. Қосықларды әстен айтың. 2. Мухаддес Китап үзиндилерин көширип жазыңлар. 3. Өзиңизде болған азап ҳәм қайғы тәжирийбеси менен бөлисиң. 4. Ҳәр бир жаңа ҳәптеде Мухаддес Китаптың жаңа аяты менен жасаңлар. 5. Өзиңиз қамақта болғандай болып дуўа етиңлер. 6. Елиңиздеги Хош Хабар жәрияланыўға мүтәж болған аймақлар ушын дуўа етиңлер. Еркин еллердеги масихыйлар қуўдаланып атырған жәмәәттиң исениўшилериниң азапларын жүрегине жақын алыў ушын не ислеў керек? Талқылаў ушын сораўлар: 1. Коммунизм Қытайдағы ҳәм Эфиопиядағы жәмәтлерди жоқ қыла яки өзгерте алды ма? Өз жуўабыңызды тийкарлаң ҳәм анықлаң. 2. Сиз усы бапта көрсетилген масихый қарым-қатнас ҳаққында қашан болмасын ойланып көрдиңиз бе? Сиз өзиңиз усындай қарым-қатнаста болып көрдиңиз бе? 3. Саны жағынан жүдә көбейип кеткен жәмәәт топары үйде жыйналыўы ушын не қылыўы керек? 4. Масихыйларды алыс жерлерге жиберип, шайтан неге ерисиўге тырысады? Оның усындай усылы өзине қарсы шығыўы мүмкин бе? Қалайынша? 5. Жергиликли аўҳалға бейимлесиў ушын, рәсмий тән алынған жәмәәттиң тәжирийбесин азырақ «дүзетиўге» ҳәрекет етип көрмедиңиз бе? Усы тақырыпты талқылаң. (Дыққат: көп жағдайларда, бизиң сабақларымызды қолланыў «дүзетиў» усылларының бири болып табылады.) Түсиндириў: Жетинши бап Масихый хожалық Балаларыңның ҳәммеси Жаратқан Ийеден тәлим алады, олар уллы тынышлыққа бөленеди. Ийшая 54:13 МУХАДДЕС КИТАПТЫҢ ХОЖАЛЫҚҚА АЙРЫҚША ДЫҚҚАТ ҚАРАТЫЎЫ Ең бастан-ақ, хожалық Қудайдың жаратылысының тийкарғы бөлеги болды. Қудай хожалық арқалы Өзиниң адамзат пенен болған қарым-қатнасын беккемледи. Не ушын хожалық Қудай ушын соншелли әҳмийетли? ҚУДАЙДЫҢ ХОЖАЛЫҚТЫ ҚОРҒАЎЫ Он буйрықтың алтаўы адамлардың өз ара қарым-қатнасына байланыслы. Ал олардың үшеўи хожалықты қорғаўға арналған: • ата-анаңды ҳүрметли; • неке ҳадаллығын бузба; • өзгениң ҳаялын күсеме (Шығ. 20:7–17). Адамлар хожалықтағы жақсы қарым-қатнасты беккемлеў ушын не ислей алады? МАСИХЫЙ ХОЖАЛЫҚ ДУС КЕЛЕТУҒЫН ҚЫЙЫНШЫЛЫҚЛАР Еркин еллерде ҳәм тоталитар басқарыў тәртипине ийе айырым мәмлекетлерде исениўшилерге қандай тәсир жасалатуғынын түсиндирип бериң. 1. Ўақыт 2. Тәлим алыў 3. Қызықтырыўшы жемтик 4. Келешек: билим ҳәм жумыс ЖӘМӘӘТ ҮЛГИСИНДЕГИ ХОЖАЛЫҚ Егер масихый хожалық негизинде жәмәәттиң тырнақ тасы болса, олар қандай да бир мәнисте жәмәәттиң өзиниң микрокосмы болып табылады? 1. Мухаддес Китапты биргеликте үйрениңлер 2. Балаларды Қудайға бағышлаңлар 3. Жәмәәттиң бес ўазыйпасын орынлаңлар 4. Дуўа етиўде үлги көрсетиңлер ЖӘМӘӘТТИҢ ХОЖАЛЫҚТЫ ҚОЛЛАП-ҚУЎАТЛАЎЫ Төмендеги қайсы кеңеслерди масихый хожалықты беккемлеў ушын сизиң жәмәәтте иске асырыўға болады? 1. Ҳәр бир исениўшиге Мухаддес Китаптағы хожалық ҳаққында тәлийматты жеткериң. 2. Исенимге келген жасларға өз хожалықларын таслап кетпеўди үйретиңлер. 3. Өз жыйналысыңызда хожалығы жоқ исениўшилер ушын хожалық атмосферасын жаратыўға жәрдем етиң. 4. Масихый тәлим бериў бағдарламасын хожалыққа жәмлеў 5. Хожалыққа өз өмиринде жәмәәттиң бес ўазыйпасын иске асырыўға жәрдем бериң Роллерге бөлинип, шынығыў өткизиў: • Сизиң қарым-қатнас жасайтуғын топарыңыздағы бир хожалықтың қыйыншылықта жасап атырғанын билесиз. Бул хожалықтағы әке өзиниң руўхый басшы сыпатындағы ўазыйпасын орынламайды ҳәм сол себептен ҳаялы ҳәм балалары ушын қыйыншылық туўдырады. Олардың өз ара қарым-қатнасы бузылған. Егер аўҳал өзгермесе, хожалық ыдыраўы мүмкин. Сиз ҳәм сизиң қарым-қатнас жасайтуғын топарыңыз бул хожалық ушын не ислей аласыз? Қалайынша топардағы қарым-қатнас аўҳалды өзгерте алады? • Бүгинги күнде, масихыйлыққа қарсы көплеген күшлер масихый хожалыққа қарсы ҳүжим жасап, оның балаларын өз тәрепине аўдырмақшы болады. Арамызда ең ҳәлсиз болғанларға, яғный өз балаларымызға зәрүр болған дыққатты аўдармайтуғынымызды ҳәм керекли таярлық пенен тәмийинлемейтуғынымызды душпан жақсы биледи. Коммунистлер өз ата-анасын сатып берген балаларды бәрқулла марапатлап келген. Бул әсиресе не ислеп атырғанын түсинбейтуғын кишкене балаларға тийисли болған жағдайда, жүдә аўыр мәселе болып табылады. Көплеген қытай хожалықларында ата-аналар өз балаларынан масихый екенин жасырып келген. Себеби олардың сатып бериўинен қорққан! Сизиң балаларыңыздың исеними қаншелли күшли? • Егер жаслар мәмлекетлик сиясатқа деген қызығыўшылығын көрсетпесе, онда мәмлекет оларға даўам етип билим алыўға жол қоймайды. Абырайлы жәмийетлерде бундай жол көп жасларды өз ата-аналарының дининен ўаз кешиўге мәжбүр етти. Бир Африка мәмлекетинде өз сиясий платформасын беккемлеў ушын ҳүкимет дүзилиси бутқа табыныўшылық дәстүрлерин қайта тиклеўге ҳәрекет етип, жасларды жаўыз руўхларға бағышланған рәсимлерде қатнасыўға мәжбүр етпекте. Егер олар бас тартқан жағдайда, оларды аяўсыз қуўдалай баслайды. Ал егер олар ҳүкиметке бойсынса, онда өзлериниң масихый исенимин ипласлап, оны улыўма жойтып қойыўдан қорқады. Бизиң балаларымыз бундай сынақты көтере ала ма? Ал сиз ше? • Айырым еллерде хожалық басшысы диний исенимине өз хожалығының басқа ағзаларын да исениўге мәжбүрлейди. Ал масихый емес күйеў ҳәм әкениң еркине қарсы масихый болған ҳаял ҳәм балалар не қылыў керек? Олар хожалық басшысын ҳүрмет етиўди қалай даўам етип, бирдей ўақыттың өзинде өз исенимине деген садықлығын қалай сақлап қалады? Талқылаў ушын сораўлар: 1. Алғыс қосықларынын бириниң авторы былай деген еди: «Бул дүнья — Қудайға дос емес». Әтираптағы дүнья сизиң хожалығыңызға ҳәм Қудай алдында жүриўиңизге қандай тәсирин жасамақта? 2. Жалған тәлийматларғаларға үйрететуғын масихый емес мектеплерде болғанда, масихый хожалықлар өз балаларын қорғай алатуғын ҳәм оларға беккем исенимде қалыўға жәрдем беретуғын усылларды талқылаң. 3. Сизиң топарыңызда топардың жас ағзалары кетип қалған жағдайлар болды ма? Оларды ҳақыйқат жолынан ким шығарды? 4. Сиз қалай ойлайсыз, сизиң қарым-қатнас жасаў топарыңыз өз ағзаларыңыздың хожалығында өз ара қарым-қатнасын беккемлеў ушын не ислей алады? Түсиндирме: III БӨЛИМ Келиспеўшилик Сегизинши бап Душпанды билиў Гүна ислей беретуғын адам шайтаннан. Өйткени шайтан бастан баслап гүна ислеп киятыр. Сонлықтан Қудайдың Улы шайтанның ислерин жоқ қылыў ушын келди. Юханның 1-хаты 3:8 1998-жылдың жазында, Қытайдың орайлық бөлегинде болған конференцияға үй жәмәәтлериниң басшылары жумыс мәселелерин талқылаў ушын жыйналды. Олар он миллоннан аслам ағзаға ийе болған кишкене диний топарлардың ўәкиллери болып, ең әҳмийетли үш мәселени таңлап алған ҳәм оларды шешиў жолын ислеп шыққан еди. Жәмәәттиң баслы машқалалары сыпатында биринши үш орнына нени қойған болар едиңиз? 1) 2) 3) Мухаддес Китап масихый өмирдеги келиспеўшилик төрт тийкарға ийе екенин үйретеди. Олар қандай тийкарлар? 1. Марк 7:20–23; 2. Юхан 16:33; 3. Яқып 4:4; Юхан. 1-х. 2:15–17; 4. Ефес. 6:10–12; Петр. 1-х. 5:8. БИЗИҢ ДУШПАНЫМЫЗ КИМ? Шайтанның күшли ҳийлелериниң бири — оның өз тәбиятының ҳақыйқый екенлигин гүңгирт қылыўдан ибарат. Мухаддес Китап бизиң душпанымыз шайтан ҳаққында көп сөз етеди. Ески Келисимдеги жети китап ҳәм Жаңа Келисим китапларының авторлары ол туўралы айтады яки оның атын атап өтеди. Жаңа Келисимде шайтан туўралы айтылған жигирма тоғыз нусқаўда Ийсаның Өзи ол ҳаққында жигирма бес рет сөз етеди. Биз Мухаддес Жазыўда: «Өйткени шайтан бастан баслап гүна ислеп киятыр», — деген сөзлер арқалы Мухаддес Китап усы душпан ҳаққында не дейтуғынын анық билиўимиз тийис (Юхан. 1-х. 3:8). Павел бизлерге шайтан өзлеримизге зыян жеткизетуғын жағдайға жол қоймаўымыз керек екенин жазған еди. Себеби оның жаўыз жобаларынан хабарсыз емеспиз (Коринф. 2-х. 2:11 ге қараң). Шайтанның атлары менен лақапларының дизими оның айырым қәсийетлери менен минезлемесин анықлаўға жәрдем береди. 1. Қозғалаңшы ҳүкимдар • ҳаўада ҳүкимдарлық етиўши ҳәким (Ефес. 2:2); • бул дүньяның ҳәкими (Юхан 14:30); • бул дүньяның ҳәкими (Коринф. 2-х. 4:4); • жинлердиң баслығы (Матта 12:24). 2. Өтирикши • айыплаўшы (Аян 12:9–11); • өтириктиң әкеси (Юхан 8:44); • нур периштеси (ал оның хызметшилери ҳақлық хызметшилери сыяқлы) (Коринф. 2-х. 11:14–15); • азғырыўшы (Салоника. 1-х. 3:5). 3. Адам өлтириўши • ақырған арыслан (Петр. 1-х. 5:8–9); • адам өлтириўши (Юхан 8:44). Масихыйдың өмирине байланыслы шайтан өзиниң баслы ролин қалай орынлайды? БИЗИҢ ДУШПАНЫМЫЗДЫҢ ШЫҒЫСЫ Қалайынша төмендеги анықламалар шайтанның қандай екенин билиўимизге жәрдем береди: • ҳаўада ҳүкимдарлық еткен ҳәким (Еф. 2:2); • бул дүньяның ҳәкими (Юхан 14:30; Коринф. 2-х. 4:4). Егер шайтан Қудайға тек еликлейтуғын болса, ал өзлигинен дөретип яки жарата алмайтуғын болса, оның баслы мақсети неден ибарат? БИЗИҢ ДУШПАНЫМЫЗДЫҢ ИСИ Қудайдың душпаны бола тура, шайтан қалайынша жаўыз қаслыққа толы ислерин масихый жәмәәт ҳәм масихый хожалық ишинде иске асыра алады? 1. Қозғалаңшы ҳүкимдар сыяқлы болған шайтан 2. Шайтан — өтирикши а) Ол Қудайдың сөзлерин бурмалайды б) Ол исениўшилерге жала жаўады 3. Шайтан — адам өлтириўши ЖУЎМАҚ Душпан жаўыз ҳәм ҳийлекер. Биз буны тән алыўымыз керек. Бирақ биз жеңимпаз өмирде жасаўымыз тийис. Себеби Мухаддес Китапта былай делинген: «Бирақ Қудайға шүкирлер болсын! Ол бизлерди Ийемиз Ийса Масих арқалы жеңиске еристире береди» (Коринф. 1-х. 15:57 ге қараң). Юхан жазған Хош Хабарды Юджин Петерсон (Eugene Peterson) өз сөзи менен былай баянлаған еди: «Адамлардың Өмири болған Нур қараңғылықта жарқырап турады ҳәм қараңғылық оны сөндире алмайды». Талқылаў ушын сораўлар: 1. Гейде адамлар шайтанды тек жаўыз күш сыпатында түсинеди. Оның ҳақыйқый екенине қалай исенсек болады? Не ушын бул әҳмийетке ийе? 2. «Қудай бар ма ҳәм Ол не ушын жер силкиниў (суў тасқыны ҳәм т. .б. апатшылықлар) ўақтында айыпсыз адамлардың өлиўине жол қояды?» — деген сораўға қалай жуўап берсе болады? 3. Жаўызлық қалайынша жақсылық болып көринип, ақырында бизлерди жоқ қылыў ушын алдайды? 4. Биреў: «Шайтан масихыйға зыян тийгизе алмайды», — деген еди. Сиз буған қосыласыз ба? Бул ҳаққында Еврейлерге жазылған хатта не айтылған? (11:32–39) 5. Усы бапта сөз етилген шайтанның усылларының ҳәр бирин талқылаң. Өз әтирапыңызда оның ҳәрекетин көре аласыз ба? Түсиндирме: Тоғызыншы бап Душпанның шебер басшылығы Сақ ҳәм сергек болыңлар. Душпаныңыз шайтан кимди жутсам екен деп, ақырған арысландай болып гезип жүр. Исенимде беккем болып, шайтанға қарсы турыңлар. Себеби дүньяның басқа жерлериндеги туўысқанларыңыздың бирдей азап шегип атырғанынан хабарыңыз бар. Петрдиң 1-хаты 5:8–9 ШАЙТАННЫҢ УСЫЛЛАРЫ Қалайынша келеси мысаллар шайтан қолланатуғын усылларды сүўретлеўши мысаллар бола алады: • Бир адамлар топарының екинши адамлар топарына қарсы миллий жек көриўшиликти көрсетиўи; • Гүресиўши диний топарлардың масихыйларға қарсы зорлық, жаўызлық ҳәм террорды туўрыдан-туўры ислетиўи; • Масихыйларды шайтан тәсирин өткизе алмайтуғын ҳәм оларды исенимде беккемлей алатуғын адамлардан бөлеклеў; • Бурын өз ара қарым-қатнас жасаған исениўшилер арасында келиспеўшилик ҳәм бөлиниўлердиң пайда болыўы. ДУШПАННЫҢ СЫРТҚЫ УСЫЛЫ Бир сиясий дизимди басқарыўшы басқа дизимге қарағанда «шайтанға көбирек тийисли» деп ойлаўға болмайды. Ҳәр бир тоталитар тәртип масихыйларды ҳәм жәмәәтти қадағалаў қағыйдасы тийкарында басқарады. Сол тәризде, паранойяны ҳәр бир тоталитар тәртиптиң айрықша белгиси деп атаўға болады. Ашық жаўызлық қарама-қарсылық жағдайында, масихыйлар өзлериниң Мухаддес Руўх пенен болған қарым-қатнасынан толығы менен ғәрезли болады. Төменде атап өтилген шайтанның сыртқы элементлери масихыйлардың хызметинде қалайынша кесент етиўи мүмкин? 1. Бөлеклеў ҳәм алаўызлық 2. Миллетшилик 3. Дүньялық адамгершилик 4. Диний маўасаның болмаўы • Динди қабыл етиўди қадаған қылыў • Рәсмий белгиленген жерлерде сыйыныў • Қорқытыў • Экономикалық қысым • Азап шегиўшилик • Прозелитизм (өз динине киргизиў) 5. Идеология (коммунизм) Коммунистлер келеси төрт усылды масихыйларға қарсы қалай пайдаланған? • Нейтрализация • Қорқытыўлар • Қайта оқыў • Жалған айыплаўлар 6. Қысым көрсетиўдиң заманагөй түрлери Бүгинги күнде, пүткил дүнья жүзи бойлап, масихыйлар душпан тәрепинен өзлерине қарсы қадағалаўдың жаңа ҳәм көбинесе онша билинбейтуғын усылларын сезип атыр. Усы усыллардың бири — экономикалық қысым болып табылады. (Мысалы: Перу сыяқлы еллерде Мухаддес Китаптың ҳәм масихый әдебияттың импорт қылынатуғын нусқаларынан басқа әдебиятқа қарағанда көбирек жоқары салық өндириледи. Басқа әдебиятларға бөтен динлерге бағышланған китаплар да жатады. Мәмлекетлик шөлкемлердиң Бангладеш ушын қаржылай жәрдем алыўы қадаған етилген; Индонезияда шет елли елшилер ушын визаларды создырыў ҳәм жаңалаў бойынша қыйыншылықлар бар). ҚУЎДАЛАЎЛАР БАРЫСЫ Доктор Джим Каннингэмниң (James Cunningham) шамалаўынша, масихыйларды жоқл қылыў мақсетине ийе болған қуўдалаўлар барысын төрт басқышқа бөлиўге болады. Төменде атап өтилгенлер сизиң хызметиңизге қандай тәсирин жасаўы мүмкин екенин түсиндирип бериң: Биринши басқыш — сизди басқарып, өтирик алдаў ушын, сизди руўхый мақсет ҳәм үмиттен айырыў мақсетинде ой-пикирлериңизге қарсы қорқытыўлар. Екинши басқыш — сизиң аўзыңызды жаўып, руўхый түскинликке салыў, сизди гүўалық айтыўыңыз ҳәм исениўиңизди тоқтатыў мақсетинде, айтқан сөзлериңизге жуўап ретинде, қысым жасаў. Үшинши басқыш — сизди реҳим менен сүйиспеншиликтен айырыў мақсетинде, қадағалаў астында услап, соққы бериў ушын, ислеген исиңиз ушын жуўап ретинде қамаққа таслаў. Төртинши басқыш — сизди биринши гезекте адам сыпатында жоқ қылыў ушын, сизиң бар болғаныңызға өлим менен жуўап бериў. Адамлар барлық басқышларда қуўдалаўларға ушыраўы мүмкин. Бирақ душпанның соңғы мақсети бәри бир де бир нәрсе, яғный өлим болып табылады. Қалайынша елде масихыйларға қарсы үш басқышлы қуўдалаўлар басланатуғынын түсиндириң: • Надурыс хабар • Дискриминация • Қуўдалаўлар Роллерге бөлинип, шынығыў өткизиў: Ҳүкимет бир жыл ишинде нызам ислеп шығыўға қарар етеди. Оған сай, рухсатсыз болған барлық жәмәәтлер жабылады. Буннан тысқары, масихыйлар залларды ижараға алыў ҳәм жәмийетлик орынларда ушырасыў ҳуқықынан айырылады. Сиз усындай рухсатқа ийе болмаған жәмәәт шопанысыз. Өз жәмәәтиңиздиң аман қалыўына жәрдем бериў ушын, сиз қандай жол қолланған болар едиңиз? Роллерге бөлинип, шынығыў өткизиң, ал кейин жәмәәтке қарсы қаратылған шайтанның алты усылының ҳәр бирин талқылаң. Сиз ҳәр бир жағдайда не ислеген болар едиңиз? Сизиң жағдайыңызға уқсасы бар? Руўхый қоллап-қуўатлаў алыў ушын, не ушын айрықша дуўа етиў керек? Талқылаў ушын сораўлар: 1. Сиз қалай ойлайсыз: коммунистлик еллерде жәмәәт қандай себеплерге байланыслы соншелли күшли болып, көп жағдайларда саны өсип кетти? 2. Не ушын рәсмий жәмәәтлерде «инфильтрация» барысын ямаса жат нәрселердиң кирип келиўин тоқтатыў соншелли қыйын? Не ушын жәмәәттеги ҳақыйқый қарым-қатнас усы мәселени нәтийжели түрде шешеди? Басқа масихыйларға қалай исениўге ҳәм душпан орталықта олар менен бирликти қалай сақлап қалыўға болады? 3. Ерте заманлардағы жәмәәт қуўдалаўлар ҳәм бөлиниўлер машқаласын қалай жеңген? Түсиндирме: Оныншы бап Шайтанның жанды қыйратыўшы ҳәрекетлери Солай етип, Қудайға бойсыныңлар! Шайтанға қарсы турыңлар, сонда ол сизлерден қашып кетеди. Яқып 4:7 ДУШПАННЫҢ ИШКИ УСЫЛЫ Душпанның ишки усылын байқаў аңсат. Бирақ бизиң душпанымыз шайтан қолланатуғын ишки усыллар белгисиз ҳәм олар оның өз мақсетине жетиўи ушын жийи-жийи тәсирлирек болады. Төменде аталатуғын жағдайларда сиз шайтанға қалай қарсы турасыз? 1. Айыплаў сезими Не ушын айыплаў сезими адамға қарсы тәсирли қурал бола алыўы мүмкин? Тәўбе етилмеген гүнаны сиз қалай жеңесиз? Елши Юханның Аянына сай (12:11), исениўшилер шайтанның айыплаўларына қарсы үш жол менен ис тутыўы мүмкин: «Олар шайтанды Қозының қаны ҳәм өзлери айтқан гүўалықлары менен жеңди, бул ушын өз жанларын өлимге қыйды». Шайтанның айыплаўларына қарсы төмендегилерди қалай қолланыўға болатуғынын түсиндириң: • Қозының қаны • Гүўалық сөзлери • Қурбан етиўши сүйиспеншилик 2. Өтирик айып сезими Сиз: «Не ушын сиз ҳүкиметке бойсынасыз?» — деген сораўға не деп жуўап бересиз? Егер сизде гүман сезими ҳәм: «Жумыс күнинде терек астына жыйналған еки-үш адамның жыйналысын сыйыныў деп атаўға бола ма?» — деген сораў пайда болса, не деп жуўап берген болар едиңиз? Мухаддес Китап тәлийматына сай, бизиң жердеги ҳүкиметлер алдындағы жуўапкершилигимиз төмендегилерден ибарат: • қулақ асыў • нызамға бойсыныў • жақсылық ислеў • ҳүкиметти сыйлаў • кишипейил ҳәм досларды сүйиўши болыў • салық төлеў • ҳүкиметти жаманламаў Мухаддес Китапта келеси қаҳарманлар қалайынша «адамларға қарағанда, көбирек Қудайға қулақ асты» (Ел. исл. 4:19; 5:29)? • Седрах, Мисах ҳәм Авденаго • Даниел • Петр ҳәм Юхан • Павел 3. Қорқыныш Қорқыныш бәрқулла шамалаўдан ибарат. Негизинде қорқыныш — ҳақыйқый болып көринген жалған қүтиўлер. Бизде қапашылық сезимин күшейтиў ушын, шайтан қорқыныштан пайдаланады? Мухаддес Китаптағы төрт тийкарды жақсы билсең, қорқынышты қалай жеңиўге болатуғынын көрсетиң: • Филип. 4:6–7; Ел. исл. 27:23–25; • Евр. 10:32–39; • Рим. 8:28; • Матта 10:28. Төмендеги унамсыз сезимлерди қалайынша жеңиўге болады: • Қыйын жағдайлардағы қорқыныш • Әдалатсызлық ҳәм гүнаға қарсы турыў қорқынышы 4. Ҳәр түрли динлердиң қоспасы (синкретизм) «Еркин жәмийеттеги синкретизмниң соңғы нәтийжеси — масихыйлық Хош Хабарды ҳәм басқа дин адамларының масихый болыўын қадаған етиўши нызамлар болады». Сиз усындай пикирге қосыласыз ба? Не ушын? 1999-жылдың октябринде Ватиканда ҳәр түрли динлердиң ўәкиллери жыйналды. Бул топарда Рим папасы, Далай-лама ҳәм иймам У. Д. Мухаммед бар еди. Гүўалар бир ҳинд ҳаялы айтқан төмендеги сөзлерди келтиреди: «Ең бастан-ақ, делегатлардың барлық динлердиң ҳәммебап ҳақыйқатқа ийе екени ҳәм өзлериниң бир мақсетке апарыўшы ҳәр түрли жоллар екени бойынша бир пикирге келгенин атап өтиў унамлы. Және де, делегатлар «жаўыз» прозелитизмди бир аўыздан ҳүким етти. ПАЙДАКҮНЕМЛИК Масихыйлар ушын пайдакүнемлик — бул билинбейтуғын дузақ, себеби биз масихыйдың барлық сыртқы белгилерине ийе болсақ та, бирақ жүрегимиз толық материалист болыўы мүмкин. Ҳәзир еркин ел болған коммунистлик Румыниядағы бир жәмәәт жетекшиси былай дейди: «Мен өз тәжирийбемнен келип шығып, қуўдалаўлар себепли исеними сыналған масихыйлардың тоқсан бес пайызы бул сынаққа шыдай алатуғынын, бирақ байлық себепли исеними сыналған сол тоқсан бес пайыз шыдай алмай, исенимнен қайтатуғынын билемен». Не ушын? «Бул дүньядағы затларға деген» қызығыўшылық үстинен қалайынша жеңиске ерисиўге болады? Қытай жетекшилери батыс масихыйларынан мыналарды өтиниш етти: «Сизлерден өтиниш, ақша бериўди шешиўден алдын дыққатыңызды жәмлеп, дуўа етиңлер. Ақшаны үй жәмәәтлериниң ҳәрекетлери менен қатнас жасаўда тәжирийбеге ийе хызметлер арқалы бериўге тырысың. Жәмәәттеги исениўшилердиң жеке мүтәжликлери ушын аз ақша бериң». Сиз усыны мақуллайсыз ба? Не ушын? ЖУЎМАҚ Дыққат аўдарың: шайтанның ҳүжимлери жалған ҳәм қорқытыўларға тийкарланған. Роллерге бөлинип, шынығыў өткизиў: Сиз жазалаўшы тәртипке ийе елде жасайсыз ҳәм сизиң ақшаңыз да аз. Сизиң елиңизде Мухаддес Китаптың ҳәм рухый әдебияттың нусқалары жетиспейди. Бир күни сизиң қарым-қатнас топарыңызда сизге ҳақ нийетли ҳәм жыллы шырайлы болып көринген шет елли бир адам пайда болды. Егер оның Батыстағы жәмәәтиниң бир бөлеги болыў шәртине көнсеңиз, ол сизлерге көп ақша бериўди усыныс етти. Егер сиз жаңа жәмәәтлерди аша алсаңыз, ол мол қурбанлық бериўди де ўәде етти. Қаржыны жумсаў бойынша, қатал есап бериўди орнатыў мақсетинде, бериўшилер менен алыўшыларға талапларын дурыс жеткизиў ушын, жергиликли жәмәәт жетекшилери қалай ис тутыўы зәрүр? Кимге ақша бериў керек? Жеке адамға ма, я шөлкемге ме? Есап бериўдиң қандай қағыйдаларын орнатыў зәрүр? Роллерге бөлинип, шынығыў ислегенизде, «Материаллық нәрселерден ғәрезли болыўды қалай жеңиўге болады?» деген бөлимде атап өтилген гәплерди киргизиң. Талқылаў ушын сораўлар: 1. Ҳақыйқый айып сезимин өтирик айып сезиминен қалай айырса болады? 2. Егер сиз өз гүнаңызды мойынласаңыз, ҳақыйқый айып сезимине не болады? 3. Пуқаралық ҳүкиметтиң шегаралары тысында қандай ҳақыйқат бар? 4. Исениўшилердиң ҳәмме нәрсеси ортақ болғанындай, сизиң диний топарыңыз ерте заманлардағы жәмәәттей қәўимлик турмыс кешире ала ма? Бундай қәўимлик турмыс қандай болыўы мүмкин? Түсиндирме: Он биринши бап Руўхый урыс Бизиң урысымыздың қураллары дүньяға тийисли қураллар емес, ал душпанның беккем қорғанларын қыйрататуғын Қудайдың қүдиретине ийе болған қураллар. Коринфлилерге 2-хат 10:4 «Ҳақыйқый урыста қатнасыўшы исениўшилер сыпатында, биз өз дыққатымызды бул урыстағы жинлерге емес, ал тири Қудайға қаратыўымыз тийис». Бул бүгин не ушын ҳәмийетли? «Руўхый урыс көбинесе партизан урысын еске түсиреди». Бул пикирди жақлаўшы дәлиллерди келтирип өтиң (Ефес 2:6; Коринф. 2-х. 4:18 ге қараң) РУЎХЫЙ УРЫСТЫ АНЫҚЛАЎ Егер шайтанның тийкарғы шебер басшылығы бөлиўге ҳәм бийлик етиўге умтылыўынан ибарат болса, онда ол буған қалай ериседи? ЖИНЛЕРДИҢ КҮШИНЕН ҒӘРЕЗЛИ БОЛҒАН АДАМНЫҢ РУЎХЫЙ УРЫСЫ Жинлер адамның өмирине тәсир жасаў ушын нызамлы ҳуқықты қалай алады? • Римлилерге 3:9–12; • Ел. ислери 19:18–19; • Марк 9:17–27; • Санлар 14:18. Елшилердиң ислери китабындағы (16:16–23) гүрриңнен руўхый урыстағы өз орнымыз ҳаққында не биле аламыз? Матта жазған Хош Хабарды оқың (12:29). Күшли адамды байлап тасламай турып, бир адамды азат етиў пайдасыз екенин айтқанда, Ийса нени нәзерде тутқан еди? РУЎХЫЙ УРЫСТЫ ҚАЛАЙ АЛЫП БАРЫЎ КЕРЕК? Мухаддес Жазыўдағы келеси аятларды шайтанға қарсы қалай қолланатуғыныңызды (ямаса қоллана алатуғыныңызды) түсиндирип бериң. • Ийшая 62:6–7; • 2-Шежире 20:21–22 ҳәм Забур 67:1–36; • Аян 12:11; • Ийшая 58:6; • Забур 83:1–4; • Яқып 4:7; • Ел. исл. 16:16–40. Роллерге бөлинип, шынығыў өткизиў: Сиз қарым-қатнас топарыңызда дуўа етесиз. Тосаттан қатнасыўшылардың бириниң жаўыз руўхқа шалынғаны мәлим болады. Сиз не ислеген болар едиңиз? Бул бахытсызды азат етиўди сиз қанша ўақыт даўамында талап етиў нийетиндесиз? Сиз бул машқаланы өзиңиз шеше алмайтуғын болсаңыз, кимди жәрдемге шақырған болар едиңиз? Сол адамның жиннен толық азат болыўы ушын гүресиў шәрт пе? Талқылаў ушын сораўлар: 1. Руўхый урыстың ҳақыйқый екенлигин толық түсине аласыз ба? Бул машқаланы түсиниў дәрежесин көтериў ушын, сиз ҳәм сизиң қарым-қатнас топарыңыз не ислей аласыз? 2. Сиз өз аймағыңызда шайтаншылар бар екенин билесиз бе? Олар ҳаққында сизиң қарым-қатнас топарыңыздың ағзалары биле ме? Бул мағлыўмат сизиң биргеликте ететуғын дуўаңызды қалай өзгерте алады? 3. Масихыйда шайтанның күшлеринен қорқыўға тийкар бар ма? Түсиндирме: IV БӨЛИМ Мүмкиншиликлер ҳәм қорлар Он екинши бап Қудайдың саўыт-қураллары Шайтанның ҳийлелерине қарсы тура алыў ушын, Қудайдың барлық саўыт-қуралларын тағыныңлар. Ефеслилерге 6:11 Қудай бизди Өзиниң хызметтеги әскерлери сыпатында руўхый қураллар ҳәм бизлер душпанды жеңиў ушын керек болған ҳәм Оның Патшалығы ушын уллы жеңиске ерисе алыўымыз ушын зәрүр болған барлық мүмкиншиликлер менен тәмийинледи. РУЎХЫЙ ҚОРҒАНЫЎ САЎЫТ-ҚУРАЛЛАРЫ Өзиңиздиң руўхый саўыт-қуралларыңыздың ҳәр бирин изертлеп шығың ҳәм ҳәзир өмириңизде болған аўҳалда ҳәр бирин «өзиңизге қалай кийетуғыныңызды» айтып бериң. • Ҳақыйқатлық белбеўи • Ҳақлық саўыты • Тынышлық аяқ кийими • Исеним қалқаны • Қутқарылыў дуўлығасы ҚУДАЙДЫҢ САЎЫТ-ҚУРАЛЛАРЫ ҚУДАЙДЫҢ САЎЫТ-ҚУРАЛЛАРЫ / БИЗ … ҲАҚҚЫНДА ҲАҚЫЙҚАТТЫ БИЛЕМИЗ / МУХАДДЕС ЖАЗЫЎДАН АЛЫНҒАН ТАСТЫЙЫҚЛАЎШЫ АЯТЛАР ҲАҚЫЙҚАТЛЫҚ белбеўи / Қудай (Ийса) — Оның ғәрезсизлиги, сүйиспеншилиги, даналығы ҳәм мухаддеслиги / Нызам. қайт. 4:39; Забур. 22:1; Забур 17:3 ҲАҚЛЫҚ саўыты / Бизиң жеке ҳақлығымыз Ийса Масих ҳәм Оның қаны / Забур 99:3; Рим. 3:23–24; 6:23; Галат. 2:20–21; Филип. 3:8–10 ТЫНЫШЛЫҚ аяқ кийими / Ишки дүнья ҳәм Ийса Масих пенен жеке қарым-қатнасымыз арқалы… таярлық / Рим. 5:1; Ефес. 2:14; Юхан 14:27; 16:33; 20:21 ИСЕНИМ қалқаны / Қудайға ҳәм Оның сөзине бәрқулла исенип, исеним менен жасаў… / Рим. 4:18–21; Евр. 11:1; Петр. 1-х. 1:6–7 ҚУТҚАРЫЛЫЎ дуўлығасы / Қудайдың ўәделери Ийса Масих арқалы ҳәр күни ҳәм мәңгиге қутқарылыў / Ҳәр күнге: Забур 15, 22; Евр. 1:3–6; мәңгилик ушын: Коринф. 2-х. 4:16–18; Салоника. 1-х. 4:17; Юхан. 1-х. 3:1–3 РУЎХ қылышы / Руўхый азғырылыў ҳәм айыплаўларға қарсы тура алыў ушын Қудайдың сөзиниң күши / Евр. 4:12; Матта 4:2–11; Петр. 1-х. 3:15; Забур 118:110–112 ҲҮЖИМ ЖАСАЎШЫ РУЎХЫЙ САЎЫТ-ҚУРАЛЛАР Ефеслилерге жазылған хат 6-бапта келтирилген ҳәм ҳүжим жасаўшы руўхый саўыт-қуралдың әҳмийетли түри болған Қудайдың саўыт-қуралларының еки түрин кеңирек қарап шығың. • Мухаддес Руўхтың қылышы • Дуўа етиў Роллерге бөлинип, шынығыў өткизиў: Өз топарыңызда рим әскериниң барлық саўыт-қуралларын қалай таққанын сахналық көринис қылып қойың ҳәм әскердиң оларды қалай қолланатуғынын көрсетип бериң. Усылардың қәлеген биреўи болмаған жағдайда, қорғаныштың болмайтуғынын ойнап көрсетиң. Биргеликте руўхый қуралдың ҳәр бир түриниң қолланыўын кеңейтиўге ҳәрекет етип қөриң. Өзиңиздиң қарым-қатнас топарыңыздың ҳәм жәмәәттиң руўхый мүтәжликлери ушын дуўа етиўге ўақыт ажыратың. Және де, дүнья жүзи бойлап қуўдаланып атырған жәмәәтлердиң исениўшилерин еске түсириң. Жеке тапсырмалар: 1. Патшалықлар туўралы 1-китаптың 17-бабын оқып шығып, бул бапта табыўға болатуғын руўхый урысты алып барыўдың қағыйдаларын атап өтиң. 2. Даўыттың қалайынша Қудайдың саўыт-қуралларының ҳәр бир тийкарын қолланатуғынын талқылаң. Бул ҳаққында Ефеслилерге жазылған хаттың 6-бабында сөз етилген. Талқылаў ушын сораўлар: 1. Қудайдың саўыт-қуралларының ҳәр бирин өз өмириңизде ис жүзинде қалай қолланатуғыныңызды талқылаң. 2. Ҳақыйқый өмирде Қудайдың саўыт-қуралларын қолланатуғынымызға қалай исенимли бола аламыз? 3. Заманагөй мәденияттан алынған қандай көринисти (рим әскериниң саўытлары ҳәм қуралларының орнына) руўхый урыста қорғаныў қағыйдаларын ҳәм күш көрсетиўди түсиндириў ушын қолланыўға болады? Мысалы: Ҳиндистанда масихыйлар күшли соққы бериўге таяр турған крикетердиң образын усынады. Ал Канадада өзине қарай күшли тезлик пенен ушып киятырған шайбаны қақшып қалыўға таяр турған хоккей командасының дәрўазаманының образын қолланады. 4. Келеси сораўларға жуўап бериң: • Бизлер ойларымыз бенен де, ислеримиз бенен де бәрқулла ҳақыйқатқа сай жасаймыз ба яки бул бойынша өзлеримиз алданып, басқаларды да алдаймыз ба? • Биз өзимизди Қудайдың ҳақлығы менен қаплаймыз ба яки өз қағыйдаларымыз бойынша жасаймыз ба? • Өзимиздиң қутқарылғанымызға деген исеним менен Қудайдың тынышлығына ийе болып жасап атырмыз ба? • Биз жедел жарастырыўшылар болыўға таярмыз ба? • Қалай ҳәрекет етип атырмыз? Исеним менен бе я қорқып па? • Қудайдың сөзлерин қолланамыз ба я өз сөзлеримизди ме? • Мухаддес Руўхтың күши менен дуўа етемиз бе яки бизиң дуўаларымыз үстиртин ҳәм менменликке толы ма? • Әтирапымыздағы урыс майданында болып атырған нәрселерге сезимталмыз ба ямаса басқа нәрселерге алаң боламыз ба? • Басқа масихыйлар ушын табан тиреп сорап атырмыз ба, оларды көтермелеп, бизлер менен бирге гүресе алыўы ҳәм жалғыз емес екенлигин билиўи ушын, Мухаддес Руўхтың күши менен жубаныш беремиз бе? Түсиндирме: Он үшинши бап Қудайдың қоллап-қуўатлаўы: Мухаддес Руўх Солай етип, өзлериңиз жаман бола тура, өз балаларыңызға жақсы сыйлар бериўди билсеңиз, аспандағы Әке де Өзинен сорағанларға Мухаддес Руўхты бериўи сөзсиз. Лука 11:13 Шайтан үстинен жеңиске ерисиў ушын, Қудай Өз жәмәәтине ҳүжим жасаўшы саўыт-қуралдың үш түрин берген. Олар: Мухаддес Руўх, Мухаддес Китап ҳәм дуўа етиў. МУХАДДЕС РУЎХ Ийса бизлерге жалғыз қалдырмайтуғынын, ал бизлерге мәңги бирге болатуғын Жубатыўшыны жәрдемге жиберетуғынын айтқан еди (Юхан 14:16–18 ге қараң). Тағы да, Ол Мухаддес Руўхтың бизлерге тәлим беретуғынын да айтқан (Юхан 14:26 ға қараң). Ийса Оны ҳақыйқатлық Руўхы деп атаған еди (Юхан 14:17 ге қараң). Мухаддес Руўх исениўшиниң өмиринде соншелли ҳақыйқый болғанлықтан, Оның ис-ҳәрекетлери менен қәсийетлерин атап өтиў пайдалы болған болар еди. Ашық қалдырылған жерлерди Мухаддес Руўхтың ўазыйпалары менен қәсийетлерин билдириўши сөзлер менен толтырың: • Ол бизиң мийрасымыздың _________ (Ефес. 1:14) • Ол бизлерди _______________ (Юхан 14:16) • Ол дүньяны __________________(Юхан 16:8) • Ол _____________________________ (Юхан 14:26) • Ол _____________________________ (Юхан 14:26) • Ол Масих туўралы ____________________ (Юхан 15:26) • Ол ҳәр қандай ҳақыйқатлық бойынша ________________ (Юхан 16:13; Рим. 8:14) • Ол Ийсадан алып, бизлерге _______________ (Юхан 16:14; Лука 2:26) • Ол Масихты ________________ (Юхан 16:14) • Ол _________ күш ___________ (Ел. исл. 1:8) • Ол бизлер арқалы ____________ (Ел. исл. 4:31) • Ол бизлерге ________________ (Юхан 16:13) • Ол бизлерде _________________ (Рим. 8:16) • Ол бизлерди __________________ (Рим. 8:26) • Ол бизлер ушын __________________ (Рим. 8:26) • Ол __________________ береди (Коринф. 1-х.12:4–11) • Ол _______________________(Титус 3:5) • Ол ўәде ____________басады (Ефес. 1:13) • Ол бизлерде _____________ пайда етеди (Галат. 5:22) Бизиң өмиримиз Қудайдың кәраматынан, Масих арқалы жоқарыдан туўылыўдан басланды ҳәм биз бундай өмирдиң даўамын тек Қудайдың күшиниң жәрдеминде ғана күте аламыз. МУХАДДЕС РУЎХТЫҢ КҮШИ Мухаддес Руўхтың ўазыйпалары менен қәсийетлери көрсетилген жоқарыда келтирилген дизимде Мухаддес Руўхтың диний еркинлик шекленген еллерде жәмәәт имаратына яки рәсмий тән алған жәмәәт жетекшисине ийе емес исениўшилер ушын иске асыратуғын ўазыйпа ҳәм қәсийетлерин белгилеп бериң. ҲӘММЕНИҢ ИЙГИЛИГИ УШЫН БЕРИЛЕТУҒЫН ЖЕКЕ СЫЙЛАР Сиз Мухаддес Жазыўдан Мухаддес Руўх ҳаққында нелерди билесиз? • Ол ____________________(Жарат. 1:2) • Ол _____________________(Евр. 9:14) • Ол ____________________ жасайды (Коринф. 1-х. 3:16; Рим. 8:9) • Ол _______________ ҳеш қашан таслап кетпейди (Юхан 14:16) • Оның болыўы ______________________________ көринеди (Галат. 5:22–23) • Ол ____________________________күш береди (Яқып 4:7; Лука 9:1–2) Мухаддес Китаптан алынған келеси аятлар бизди неге үйретеди? • Ефеслилерге 4:7, 11–12; • Коринфлилерге 1-х. 12:1, 7, 11; • Петр. 1-х. 4:10. Роллерге бөлинип, шынығыў өткизиў: Сиз қарым-қатнас жасайтуғын топарыңыз бенен биргеликте Мухаддес Руўхтың ҳәрекетин атап өтиң ҳәм олардың сизиң күнделикли өмириңизде иске асыўы бойынша мысаллар менен бөлисиң. Усы сыйларды санап айтып бериўден баслаң. Кейин, қатнасыўшылардың қайсы бири соңғы бир неше күн даўамында Мухаддес Руўхтың өзине қандай да бир жағдайда жубаныш бергенин анық сезгени туўралы сораң. Исениўшилерден өз өмиринде усыған байланыслы болған анық ўақыялар туўралы айтып бериўди өтиниш етиң. Мухаддес Руўхтың барлық ҳәрекетлериниң иске асыўын олардың неге көрмей атырғанын талқылаң. Мухаддес Руўхтың өмириңиздиң ҳәр бир тараўын қадағалаўы ушын дуўа етиң. Талқылаў ушын сораўлар: 1. Бизлерге Өзин үш бетте ашып берген Қудайды қабыл етиўимизге шайтан пүткил күши менен қарсылық көрсетеди. Бул тәлийматқа көрсетилген қарсылық ҳаққында қандай анық мысалларды келтире аласыз? Бул тәлийматты түсиниў ушын, исениўши туўысқанларға қалай жәрдем берсек болады? 2. Мухаддес Руўхтың қайсы ҳәрекетлери сизге айрықша әҳмийетли болып көринеди? 3. Өз өмириңиздиң қайсы тараўында сиз Мухаддес Руўхтың ҳәрекетин көресиз, бул туўралы айтып бериң? 4. Мухаддес Руўхтың сыйларын және бир рет санап айтып бериң. Сизиң пикириңизше, қарым-қатнас топарыңыздың ағзалары қандай сыйларға ийе? Ал сиз өзиңиз қандай сыйға ийесиз? 5. Мухаддес Руўхтың ис-ҳәрекетиниң жемислерин атап өтиң. Бизиң өмиримизде Мухаддес Руўхтың жемислери көринетуғынын қалай анықлаўға болады? Ол сизде көрине ме? Ал сизиң қарым-қатнас топарыңызда ше? Түсиндирме: Он төртинши бап Қудайдың қоллап-қуўатлаўы: Мухаддес Китап Алды менен мынаны билип қойыңлар: Мухаддес Жазыўда болған ҳеш бир пайғамбаршылық сөзин ҳеш кимге өз бетинше түсиндириўге болмайды. Өйткени ҳеш бир пайғамбаршылық сөзи адамның қәлеўи менен айтылған емес. Ал Мухаддес Руўх тәрепинен басқарылған адамлар Қудайдың сөзлерин айтқан. Петрдиң 2-хаты 1:20–21 АҚЫЛ-НӘСИЯТ БЕРИЎДИҢ БАСЛЫ ТИЙКАРЫ Не ушын масихыйлар өзлериниң руўхый саўыт-қуралы сыпатында Мухаддес Китапқа мүтәж? Ашық жерлерге туўры келетуғын сөзлерди жазып толтырың: Мухаддес Китап — бул Қудайдың Өзи ҳәм Оның адамлар менен _________ қәлеўи ҳаққында жазылған ______. Бул тек Қудай ____ ҳаққында аян болып қалмай, ол Қудайдың дүньяны ________________________ болып табылады. Қудай __________________ қәлемегенде, адамлар ҳеш қашан да уллы Қудайымызды түсине алмаған болар еди. Не ушын шайтан Мухаддес Китапқа деген күшли жек көриўшиликке ийе? МУХАДДЕС ЖАЗЫЎДЫҢ АБЫРАЙЫ Не ушын жазалаўшы тәртипке ийе еллердиң ҳүкиметлери Мухаддес Китапты жек көреди? ШЕГАРАСЫЗ МУХАДДЕС КИТАП 1. Мухаддес Китапты оқыў, оны үйрениў ҳәм ол туўралы пикир жүргизиў Мухаддес Китапты өз өмиримизде қолланыў ушын биз өзимизге тийкарғы үш сораўды бериўимиз тийис: • Мухаддес Китап аятларын биринши тыңлаған адамлар ушын бул аятлар нени аңлатқан? • Оларда ўақытқа бойсынбайтуғын қандай қағыйда жасырылған? • Мен бул қағыйданы қай жерде ҳәм қашан ис жүзинде қоллана аламан? Минекей, Мухаддес Китап аяты ямаса үзиндиси үстинде ой жуўыртыўдың алты жолы: • Оны көз алдыңызға келтирип көриң! Онда сүўретленген ўақыяны өз ойыңызда көз алдыңызға келтириң. • Оны айтып бериң! Оны даўыс шығарып, ҳәр сапар ҳәр қыйлы сөзлерди айрықша қылып айтың. • Оны өз сөзиңиз бенен гүрриң етип бериң! Өз гүрриңизди жазың. • Оны ойнап көрсетиң! Қаҳарманның атын өзиңиздиң атыңыз бенен аўмастырың. • Ол ушын дуўа етиң! Аятты дуўаға айландырың ҳәм ол туўралы Қудайға айтың. • Оны изертлең! Оған келеси сораўларды бериң: • Бул аят мен тәўбе етиўим тийис болған гүнамды әшкаралап атыр ма? • Бул аят маған өзим дуўа ете алатуғын ўәделерди көрсетип атыр ма? • Бул аят мен өзгертиўим керек болған қарым-қатнасты көрсетип атыр ма? • Онда мен орынлаўым шәрт болған буйрық бар ма? • Онда мен алыўым керек болған үлги бар ма? • Онда маған дуўа етиўге жәрдем беретуғын нәрселер ме? • Онда мен ислеўден аўлақ болыўым керек қәтелер көрсетилген бе? • Онда мен исениўим тийис болған ҳақыйқатлар бар ма? • Онда мен Қудайға миннетдаршылық билдире алатуғын бир нәрсе бар ма? 2. Мухаддес Китап аятларын ядлаў Бир бет қағазға өзиңиз ядлаўды қәлейтуғын барлық аятларды жазың. Өзиңиз ядлаў ушын жазған аятлардың санын бир долларға көбейтиң. Солай етип, сиз өз Мухаддес Китабыңыздың ғәзийнесиниң қунын есаплап көре аласыз. Өз есабыңызды Мухаддес Китаптың барлық аятлары менен салыстырың: 31 102 000 доллар. МУХАДДЕС КИТАПТЫ САҚЛАЎ Қуўдаланып атырған жәмәәт масихыйлары Мухаддес Китапты жасырын тарқатыў бойынша жүдә аўыр жағдайларда арттырған тәжирийбелер төмендегише: • Мухаддес Китапты бир пүтин китап қылып емес, ал бөлек-бөлек ҳалында тарқатқан аңсатырақ. • Мухаддес Китап нусқаларын оннан үзиндилерди көширип жазатуғын ҳәм оларды басқа исениўшилер арасында тарқататуғын адамларға бериң. • Жазалаўшы тәртипке ийе болған ҳәмме еллердиң де ҳүкиметлери ел ишиндеги почтаны қадағалай алмайды. Мухаддес Китаптың аз нусқаларын почта арқалы да жибериўге болады. Жиберилген нусқалар әпиўайы қағазға қолдан жазылған болыўы керек. Қағазды ҳәр қағаз-қәлем сатылатуғын ҳәр бир дүкәннан сатып алыўға болады. • Әсиресе Мухаддес Китап текстлери намаға салынса, аудиожазбаларын қолланыў онша гүманлы болмаўы мүмкин. • Компьютерден пайдаланыўшылар Мухаддес Китапты дискет ҳәм лазер дисклеринде сақласа болады. Роллерге бөлинип, шынығыў өткизиў: Сизиң топарыңыз өзлериңиз Мухаддес Китапты алып келиўге рухсат етпейтуғын бөлмеде жыйналған. Ҳәр бир қатнасыўшы өзлериниң ядында болған Мухаддес Жазыўдың барлық аятларын қағазға жазып берсин. Соңынан оларды китаптағы түп нусқа менен салыстырың. Ең ақырында Мухаддес Китаптың қаншелли үлкен үзиндисине ийе болдыңыз? Өткизилген тәжирийбениң нәтийжелерин талқылаң. Талқылаў ушын сораўлар: 1. Сиз Мухаддес Китапты сынға алғанын еситип көргенбисиз? Масихый оған қандай қатнаста болыўы керек? 2. Ийса Масихтың Ески Келисим Жазыўларын әҳмийетли деп есаплағанына қалайынша исенимли болыў керек? 3. Бизлер не ушын Мухаддес Китап аятларын ядлаўымыз керек? 4. Мухаддес Китапты ядлаў жобасы көбинесе тийкарғы аятларды ядлаўды усынады. Пүткил бапларды ядлаў не ушын соншелли әҳмийетли? 5. Ҳүкимети Мухаддес Жазыўды қадаған еткен елге барып қалсаңыз, Мухаддес Китап нусқасын қалай сақлап қаласыз? Түсиндирме: Он бесинши бап Қудайдың қоллап-қуўатлаўы: Дуўа етиў Бәрқулла дуўа етиңлер. Дуўа еткениңизде, шүкирлик билдирип, сергек болыңлар. Колосалыларға 4:2 КҮШ ДУЎА ЕТИЎДЕ Сиз исенимге жақында келген адамға дуўа етиўдиң не екенин қалай түсиндирип берген болар едиңиз? ҚАШАН ДУЎА ЕТИЎ КЕРЕК? Мухаддес Жазыўдан алынған үзиндилер қашан ҳәм қалай дуўа етиў кереклигимиз ҳаққында не дейди? • Қудайды алғыслап ҳәм мақтап _________________ дуўа етиң (1 Шежире 29:10–13); • Гүналарыңызды мойынлап, тәўбе етиң ______________ (2 Шежире 7:14); • Пәк ______________ ҳәм нийетлер менен дуўа етиң (Забур 65:18–20); • ____________________________дуўа етиң (Матта 6:6); • ____________ үйреткендей қылып дуўа етиңлер (Матта 6:9): • Қудайдың ________сай дуўа етиң (Юхан 15:7); • ___________________менен дуўа етиң (Рим. 12:12); • ___________________менен дуўа етиң (Фил. 4:6); • Сергек болып _________ менен дуўа етиң (Колоса. 4:2); • ___________________ менен дуўа етиң (Салоника. 1-х. 5:17); • ___________ пәк қолларыңыз бенен дуўа етиң (Тимоф. 1-х. 2:8); • Апатшылық ўақтында ҳәм _________ дуўа етиң (Яқып 5:13–16); • Өзиңиздиң __________деген ақыллы қатнас тийкарында дуўа етиң (Петр. 1-х. 4:7); • Қудайдың _____ бойынша дуўа етиң (Юхан 5:14–15); • ____________________ (Яҳуда 1:20); ҚАЛАЙ ҲӘМ НЕ УШЫН ДУЎА ЕТИЎ КЕРЕК? Ийсаның Өз шәкиртлерине берген дуўа етиў үлгисиндеги алты бөлим қандай? Олардың ҳәр бир бөлимин исенимге жақында келген адамға түсиндиргендей қылып, түсиндирип бериң: 1. Алғыс «Аспандағы Әкемиз! Сениң атың мухаддес бола берсин» 2. Мақсет «Сениң Патшалығың келсин. Аспанда орынланғаны сыяқлы, жерде де Сениң еркиң орынлансын» 3. Тәмийинлеў «Бизлерге бүгин де күнделикли нанымызды бере гөр» 4. Кеширим «Бизлердиң гүналарымызды кешире гөр» 5. Адамлар «Бизлерге гүна ислегенлерди кеширгенимиздей…» 6. Қорғаныш «Бизлердиң азғырылыўымызға жол қоймай, шайтаннан қутқара гөр» ДУЎА ЕТИЎДИҢ БАСҚА ӨЛШЕМЛЕРИ 1. Ўәделерди есте сақлап, дуўа етиң Дуўа етиўге байланыслы келеси ўәделерди түсиндирип бериң: • Әке Улы арқалы уллыланыўы ушын, Мениң атым менен не сорасаңлар да, ҳәммесин орынлайман (Юхан 14:13). • Сораңлар, сизлерге бериледи. Излеңлер, табасызлар. Есикти қағыңлар, ол сизлерге ашылады» (Матта 7:7). • Мени шақыр, сонда Мен жуўап беремен, саған өзиң билмейтуғын уллы ҳәм қол жетпес нәрселерди көрсетемен (Ерем. 3:3). 2. Мухаддес Руўхтың даўысына қулақ салып, дуўа етиң Не ушын Қудайды еситиў дуўа етиўдиң соншелли әҳмийетли бөлеги болып табылады? 3. Анық тилеклердиң орынланыўын күтип, дуўа етиңлер Дуўа етиўде анықлап сораў не ушын әҳмийетли? Анықлап дуўа етиў бойынша берилген келеси буйрықларға дыққат аўдарың: • _______________ дағы тынышлық ушын дуўа етиң (Забур 121:6); • _______________ ушын дуўа етиң (Матта 5:44); • Жаманлықтан_________________деп дуўа етиң (Матта 6:13). • Пүткил жер жүзиндеги _______________ масихыйлар ушын дуўа етиң (Матта 9:37–38); • _______________ үстинен жеңиске ерисиў ушын дуўа етиң (Матта 26:41); • _______________ қорғаў, мухаддеслениў ҳәм бирлик ушын дуўа етиң (Юхан 17); • _______________ ҳәмме ушын дуўа етиң (Ефес 6:18); • Пүткил жер жүзиндеги масихый жетекшилердиң _______________ ушын дуўа етиң (Салоника. 2-х. 3:2); • ______________ ҳәммеси ушын дуўа етиң (Тимоф. 1-х. 2:1–7); • Руўхый _______________ ушын дуўа етиң (Яқып 1:5); • Өз өмиринде _______________ туўысқан ушын дуўа етиң (Юхан. 1-х. 5:16). ДУЎА ЕТИЎДИҢ АРНАЎЛЫ ҚӘСИЙЕТИ Қудай бизлердиң дуўамызға жуўап бериўи мүмкин болған төрт усылға дыққат аўдарың: • Оның аты менен не сорасақ та, бизге ҳәммесин бериўи; • Сораған нәрсемизди Өз ўақтында орынланыў ушын, оны ўақытша соңына қалдырыўы (тек Ол ғана ҳәммесин бастан аяғына дейин көрип биле алады); • Бизге «яқ» деп жуўап берип, бир нәрсени бермеўи. Себеби бизлер өзлеримизге керекли нәрсени сорамаймыз; • Басқа, ең жақсы жуўапты бериўи. Дуўа етиўде не нәрселер тосқынлық қылатуғыны ҳаққында Мухаддес Китаптағы қайсы үзиндилерде айтылған: • Өз мәпи _________дуўа етиў (Яқып 4:3); • ______________ тәўбе етпей турып, дуўа етиў (Юхан 9:31); • Қудайдың _________ сай емес дуўа етиў (Ерем. 14:10–13); • Қудайдың ________ жуўапсыз дуўа етиў (Сулайм. ҳикметлери 1:24–33); • __________ бийпәрўа қатнаста болып, дуўа етиў (Сулайм. ҳикметлери 21:13); • _________________ толы қоллар менен дуўа етиў (бул адам өлтириў менен бирдей) (Ийшая 1–15); • ____________________ басқаларға хызмет етиў менен биргеликте болатуғын дуўа етиў (Ерем. 11:11–14); • ____________менен дуўа етиў (Яқып 1:6–7); • __________ яки наҳақ дуўа етиў (Аюп 27:8); • _________ адамлар ушын дуўа етиў (Аюп 35:12); • __________ адамлар ушын дуўа етиў (Лука 18:9–14); • _____________Қудайдың халқы ушын дуўа етиў (Забур 17:41–42). Дүнья жүзинде ең көп топарларға ийе болған жәмәәттиң шопаны, ҳәзирет доктор Чо дуўа етиўдиң үлкен әҳмийети ҳаққында көп айтады. Ол Кореядағы өсип баратырған жәмәәттиң шопаны бола тура, күнине ең кеминде бес саат дуўа етиў шәрт деп есаплайды. Ол дуўа етиўди еки түрге бөледи. Олар: анық мақсет пенен етилген дуўа ҳәм қарым-қатнас дуўасы. Еки түр де әҳмийетли, бирақ мақсет пенен етилген дуўа аўыр мийнеттен ибарат болып, ол көп күш жумсаўды талап етеди. Анық мақсет пенен етилген дуўаның избе-излиги төмендегише: • анық мақсет қойып, оған дыққат қаратың; • әпиўайы сөзлерди қолланың; • өз жүрегиңиздиң барлық сезим ҳәм күшлерин иске салың; • қайтпас болың (Лука 18:1–8 ге қараң). Қарым-қатнас дуўасы менен бир мақсетке бағдарланған дуўа етиў арасындағы айырмашылықты түсиндирип бериң. Қуўдаланып атырған жәмәәт өзлестириўи тийис болған уллы сабақлардың бири — бул олардың өзлерин қуўдалап атырғанлар ушын дуўа етиўи болып табылады. Өзиңиздиң ең баслы «қуўдалаўшыңызды» анықлаң. Усы адам ушын еткен дуўаңызды жазып қойың: ОРАЗА Мухаддес Китаптағы келеси дәлиллерге дыққат аўдарың: • Муўса қырқ күнлеп еки рет ораза тутты (Шығ. 34:28 ге қараң); • Даниел (жеке ораза) жигирма бир күн даўамында ораза тутты (Дан. 10:3 ке қараң); • Иоел исениўшилерди ораза күнин белгилеўге шақырды (Иоел 1:14; 2:12 ге қараң); • Ездра ораза тутқан ҳәм жылаған ўақтында аўлақ жерге кетти (Ездра 10:6 ға қараң); • Илияс қырқ күн даўамында ораза тутты (Пат. туўр. 3-к. 19:8 ге қараң); • Антиохиядағы жәмәәт жетекшилери ораза тутты (Ел. исл. 13:2–3 ке қараң); • Ийса қырқ күн даўамында ораза тутты (Лука 4:2 ге қараң); • Павел ҳәм Барнаба ораза тутты (Ел. исл. 14:23; 27:33 ке қараң). Оразаның ҳәр қыйлы түрлери бар ма? Оразалар арасында айырмашылық бар ма: • әпиўайы • толық • жеке Ораза тутыў ўақтында не қылыў кереклиги ҳаққында айтылған кеңеслерди еске түсириң. Билли Брайттың келешек ояныў ҳәм Американы ораза тутыўға, дуўа етиўге ҳәм Қудайды излеўге шақырыў бойынша жазған китабында (Billi Bright, The Coming Revival — America s Call Fast, Pray and Seek God s Fase) айтылыўынша, ҳәр екшемби күни жәмәәтке баратуғын жүз миллион америкалылардың 50% ы өзлериниң қутқарылғанына исенбейди, 95% ы Мухаддес Руўхтың Өзи ҳәм Оның хызмети менен таныс емес, Америкадағы исениўшилердиң тек 25% ы ғана өзлериниң Масихқа деген исенимин басқа адамлар менен бәрқулла бөлиседи екен. Ҳақыйқаттан да, бул рас па? Расында да, биз тек өзлеримизди масихый қылып көрсетип, негизи дүньядағы әдеп-икрамлық ҳәм негизлерге сай ис тутып, жүзегөйлик, еки жүзлилик ҳәм диннен қайтыў атлы үш нәрседен ибарат болған нәрселер менен жасаймыз ба? Биз не қылыўымыз керек? «Доктор Билли Грэм өзиниң изертлеўлерине сай Америкадағы масихыйлардың 90% ы жеңилиске ийе өмирде жасайтуғынын айтқан еди» (The Coming Revival, p. 192). Қытайдағы жәмәәт саны бойынша жүз миллион адамға шамаласып киятыр. Бул Америка Қурама Штатлары халқының дерлик ярымын қурайды. Қытайлы сол адамлар Қудайға терең садық болған, ҳәмме нәрсенин — лаўазымын, эконимикалық жағдайын, ден-саўлығын, хожалығын қәўип астына қойыўға таяр адамлар. Ал булардың ҳәммеси негизинде Батыста жасайтуғын бизлер ушын соншелли қәдирли. Қытай исениўшилери ушын биринши орында дуўа етиў, гүўалық айтыў ҳәм Мухаддес Руўхқа толыў турады. Сиз қалай ойлайсыз, не ушын сондай? Ийшая пайғамбардың китабының 53-бабында пайғамбар Ийемизге унамлы болған ҳақыйқый ораза ҳаққында айтады. Бундай оразада қыйналыў ҳәм қулақ асыўға қосымша, аўқаттан өзин тыйыў ҳәм әдалатсызлыққа деген қарсылық та биргеликте көрсетиледи. Оразаның физикалық артықмашылығы (ашық жерлерди толтырың): • организмди ___________тазалайды; • аўқат сиңириў, дем алыў ҳәм қан менен тәмийинлеў дүзилислери ушын физиологиялық ________ жол қояды. • _______ түсиреди ҳәм қан лимфа дүзилисин ________; • пүткил организмниң ____________тазаланыўына алып келеди; Түсип қалған сөзлер: дем алыў, аўырлық, шығынды, зәҳәрлеўши затлар (токсинлер), жаңарыў. Оразаның руўхый артықмашылықлары (ашық жерлерди толтырың): • Ийемиз _______бирге болыў ҳәм Оның дәргайында • Дуўа еткенде, Ийемиз алдына өзимизди _________; • руўхый сезимталлық дәрежесин, сақлық ҳәм _______ көтериў; • Өз нийетлеримизди, мақсетлеримизди ҳәм _________ изертлеў ўақты. Түсип қалған сөзлер: баҳалық, кишипейиллик, бирме-бир, айырып билиў. Роллерге бөлинип, сабақ өткизиў: Сиз — қарым-қатнас топарының жетекшисисиз ҳәм сиз ораза тутыў ҳәм дуўа етиў күнин жобаластырып атырсыз. Сизге ҳәм сизиң топарыңызға ең туўры келетуғын ҳәр түрли вариантларды талқылаң ҳәм жобаластырың. Биргеликте дуўа етиў ушырасыўын жобаластырың. Онда жоқарыда айтып өтилген барлық жол-жорықларды иске асырыўға болады. Белгили бир мүтәжликлер ушын дуўа етиў ўақтында, Мухаддес Руўхтың сыйлары көринеди. Талқылаў ушын сораўлар: 1. Не себептен бизиң еткен дуўаларымыз пайдасыз болып қалыўы мүмкин? 2. «Тынбай дуўа етиңлер» (Салоника. 1-х. 5:17) деп буйырғанда, Павел нени нәзерде тутқан еди? Бул мүмкин бе? 3. Қандай мүтәжликлер ушын дуўа етиў кереклигин жазып барыў бизиң исенимимизди қалай беккемлей алады? 4. Қудай сизиң дуўаларыңызға жуўап берген жағдайлар болды ма? Олар туўралы айтып бериң. 5. Етилген дуўаға жуўап болмағанын яки бизлер күтпеген жуўаплар болғанына қандай қатнаста болыў керек? ЖУЎМАҒЫНДА: Ол орынлаў ушын күш сорады, Бирақ шыдам ушын ҳәлсизлик алды, Ол уллы ислер ушын ден саўлық сорады, Бирақ уллы тақырыплар ушын күшсизлик алды, Ол адамларды жеңиў ушын бийлик сорады, Бирақ Қудайды излеў ушын ҳалдан тайыўды алды. Ол ғам-қайғы болмаўы ушын байлық сорады, Бирақ даналыққа ерисиў ушын кәмбағаллық алды. Ол өмирге қуўаныў ушын, ҳәмме нәрсени сорады, Бирақ ҳәмме нәрсеге қуўаныў ушын өмир алды. Ол өзи сораған ҳеш нәрсени ала алмады. Бирақ өзи үмит еткеннен де артық алды. Ол өз дуўасына жуўап алды! Ол — жарылқанған адам! Түсиндирме: V БӨЛИМ Таярлық Он алтыншы бап Ҳақлықта өсип барыў Жарысқа қатнасатуғынлардың ҳәммеси өзлерин барлық нәрседен тыяды. Олар буны өткинши тажды алыў ушын ислейди. Ал бизлер мәңгилик тажды алыў ушын ҳәрекет етемиз. Коринфлилерге 1-хат 9:25 Мухаддес Китаптағы бир пүтинликти сақлаў ушын, бизлер ушын алдын ала жазылған ҳәм таярланған таярлық түсинигин қарап шығайық. Онда ҳәр бир адам Қудайдың бағдарлаўына қулақ салыў ҳәм душпанның қаслықларына төтепки бере алыў ушын, тәрбия дәўирин басып өтеди. Бахытлылықтың сегиз буйрығының ҳәммеси еки тәбиятқа ийе екенин есте сақлаў әҳмийетли. Яғный, олар «билимди» билдиреди, ал усы билимниң нәтийжеси «ислеў» болып табылады. Ҳәр бир буйрықтың қасына Қудайдың еркине сай өзиңиздиң нени «билиў» ҳәм нени «ислеў» керек екенлигиңизди белгилеп барың. «Руўхый жарлы болғанлар бахытлы! Аспан Патшалығы олардики» (Матта 5:3). «Қайғырып жүргенлер бахытлы! Олар жубаныш табады» (Матта 5:4). «Кишипейиллилер бахытлы! Олар жер жүзине ийелик етеди» (Матта 5:5). «Ҳақлыққа мүтәж болғанлар бахытлы! Қудай оларды толық қанаатландырады» (Матта 5:6). «Мийрим-шәпәәтлилер бахытлы! Олар мийрим-шәпәәт алады» (Матта 5:7). «Пәк кеўиллилер бахытлы! Олар Қудайды көреди» (Матта 5:8) «Жарастырыўшылар бахытлы! Олар Қудайдың балалары деп аталады» (Матта 5:9). «Ҳақлық ушын қуўдаланғанлар бахытлы! Аспан Патшалығы олардики» (Матта 5:10). 1. Кишкене топарларға бөлинип, усы бапта усынылған сабақларды талқылаң. Бахтылылық буйрықларының қайсы бири сиз ушын ис жүзинде қолланыўға ең қыйыны болып табылады? 2. Арқа Кореядағы жасырын жәмәәттиң исениўшилери өзлериниң жасырын жыйналысларында Ийемиздиң дуўасы менен биргеликте келеси бес қағыйданы жәриялайды: • Биз қуўдалаўлар менен азапларды қуўаныш пенен, мақтанышлы түрде бастан кеширемиз. • Биз Ийсаның аты ушын масқаралаўлар, мазақ қылыўларды ҳәм жоқшылықты қуўаныш пенен қабыл еткимиз келеди. • Биз басқалардың көз жасларын сүртип, азап шеккенлерди жубатқымыз келеди. • Биз жанымыздағы адамның масихый болыўы ушын оған деген сүйиспеншилик себепли өз өмиримизди қәўип астына қойыўға таяр болғымыз келеди. • Биз Қудайдың сөзинде көрсетилген үлгилерге сай өмир сүргимиз келеди. Бул исениўшилердиң ҳақ өмирге қалай таярланғаны ҳаққында талқылаң. 3. Мух. Франциск жазды деп есапланатуғын келеси дуўадағы нәрселерди талқылаң: ДҮНЬЯ УШЫН ДУЎА ЕТИЎ Ийем, мени Өз тынышлығыңның қуралы қыл; Маған жек көриўшилик бар жерге сүйиспеншилик егиўге жәрдем бер, Жәбир бар жерде кеширим бериўге, Қәте бар жерге ҳақыйқат апарыўға, Гүман бар жерге исеним апарыўға, Үмитсизлик бар жерге үмит, Қараңғылық бар жерге нур, Қайғы бар жерге қуўаныш апарыўға. О, Қүдиретли Қудай, Өзим жубаныш излемей, басқаларды жубатайын мен, Мени түсиниўин қәлемей, түсинейин өзим өзгени; Сүйиспеншилик излемей, өзим берейин оны. Өйткени биз бергенимиз арқалы ерисемиз, Кеширим берсек ғана кеширим аламыз. Өзимиз ушын өлсек, мәңгилик өмир ушын туўыламыз биз. Аўмийин. 4. Мухаддес өмир кеширгиси келген адамды қандай қыйыншылықлар күтип тур? Мухаддесликтиң қайсы тәреплерин заманагөй өмирде орынлаў қыйын? 5. Өз елиңизде ҳәм масихыйлар қуўдалаўлардан қыйналып атырған өзиңизге белгили болған басқа аймақлардағы ҳәр қыйлы халықлар ҳәм диний топарлар арасында узақ даўам еткен парахатшылық ҳәм келисим болыўы ушын биргеликте дуўа етиң. Түсиндирме: Он жетинши бап Қарым-қатнаста көринген сүйиспеншилик Перзентлерим, тек сөз ямаса тил менен емес, ал ис ҳәм ҳақыйқатлық пенен сүйейик. Юханның 1-хаты 3:18 Ийса: «Сизлер — дүньяның дузысызлар», — деген еди. Бул салыстырманың күши менен мәниси неден ибарат? Дуз төрт тийкарғы сыпатқа ийе болып, ол таза, арзан, аўқатқа қосымта ҳәм дәмди күшейтиўши зат сыпатында қолланылады. Масихыйлардың несин дуз бенен салыстырыўға болады? Және де, Ийса масихыйларды нур менен салыстырған еди. Нур патас нәрсени ашық көрсетеди, жолды жақты қылады, сонлықтан биз сүрникпеймиз, ол қараңғылықты қуўып, қорқынышты серпип жибереди, бир-биримизди ҳәм ҳақыйқат пенен жалғанды танып билиўимизге, мийнет етиўге жәрдем береди. Масихыйлар қандай мәнисте нурға уқсаўы мүмкин? АДАМГЕРШИЛИКЛИ ЖӘРДЕМ Яқыптың хатында (1:17) былай делинген: «Әкемиз Қудайдың алдында пәк ҳәм қәтесиз диншиллик бул — жетим-жесирлерге қыйын күнлеринде жәрдем етип, өзин дүньяның напәкликлеринен сақлаў». Бул сөзлердиң мәнисин исенимге жақында келген адамға түсиндиргендей қылып түсиндирип бериң. Петрдиң 1-хатын оқың (2:12): «Исенбейтуғынлар арасында ҳадал өмир сүриңлер. Олар сизлерди жаманлық ислеўшилер деп айыпласа да, жақсы ислериңизди көрип, Қудай келетуғын күни Оны алғыслайды». Бул аятты Ефеслилерге жазылған хат пенен салыстырың (2:10): «Себеби бизлер Қудайдың дөретпесимиз. Өзи алдын ала таярлаған жақсы ислерин ислеп жасаўымыз ушын, Ол бизлерди Масих Ийса арқалы жаратты». «Жақсы ислерге» нелер жатады (азық-аўқат, суў, кийим-кеншек, баспана ҳәм медициналық жәрдем менен тәмийинлеў)? Бул «жақсы ислер» басқа «жақсы ислерден» неси менен парық қылады (гүўалықлар ҳәм дуўа етиў)? «Биз өзимиз бенен биргеликте аспанға тек еки нәрсени ғана алып кете аламыз. Олар: бизиң еткен дуўаларымыз ҳәм өзлеримиз Масихқа алып келген адамлардың жаны». Егер сиз усы сөзлердиң ҳақыйқый екенине исенсеңиз, онда масихый «адамгершиликли жәрдем» мәниси неден ибарат? 1. Бул баптан өзиңиз алған жақсы сабақларды талқылаң. Усы сабақта атап өтилген нәрселердиң ҳәр бирине байланыслы сизиң өзиңизде ҳәм (ямаса) жәмәәтиңизде болған жетискенликлер ҳәм кемшиликлерди санап айтып бериң. Егер мүмкиншилик туўылса, не үстинде ислеген болар едиңиз? 2. Сабақты өзиңиздиң ҳәлсиз тәреплериңизди мойынлаў, сиз ҳәм (яки) сизиң жергиликли жәмәәтиңиз ислей алған нәрселер ушын Қудайға миннетдаршылық билдирип, дуўа етиў менен жуўмақлаң. Тағы да, не ислеў кереклиги ушын да дуўа етиң. Талқылаў ушын сораўлар: 1. Өзиңиз тийисли болған масихый қәўим қалайынша аймағыңызда нур ҳәм дуз бола алады? 2. Адамларға agape (сүйиспеншилик) көрсетиўге байланыслы қайсы тараў сиз ушын ең қыйын болып көринеди? 3. Душпанларды жақсы көриў дерлик мүмкин емес. Сүйиспеншилик көрсеткиси келген масихый қандай күшке ийе? Өз душпанымызды жақсы көриў ҳәм соның менен бирдей ўақытта оларға қарсы гүресиў мүмкин бе? Түсиндирме: Он сегизинши бап Сабырлылық ҳәм ақыл-нәсият Айырым адамлардың әдетке айландырғанындай, жыйналысларымызды қалдырмайық. Керисинше, Ийемиз келетуғын сол күнниң жақынлағанын билип, бир-биримизди еле де жигерлендирип барайық. Еврейлерге 10:25 САБЫРЛЫЛЫҚ Бәрқулла Қудай алдында жүриўимиз ҳәм Мухаддес Руўхтың жемисин бериўимиз ушын, биз сабырлылық деп аталыўшы қәсийетке ийе болыўымыз тийис. Төменде усынылған Роберт Моррисонның өмир тарийхы арқалы оның өзинде сабырлылықты пайда етиўге жәрдем берген нәрселерди атап өтиң. Өткен әсирлердеги биринши елшилердиң сабырлылығы болмағанда, қытайлыларда елеге дейин Мухаддес Китап болмаған болар еди. Роберт Моррисон (Robert Morrison) Шотландиядағы кишкене тоқымашы қаланың жарлы аймағында өсип ержетти. Екшемби күнги мектеп муғаллими Ийса ушын баланың жүрегин қазаныў ҳәрекетин тоқтатқан жоқ. Усы муғаллимниң сабырлылығы себепли жас Моррисон Ийсаның шәкиртине айланды. Ол Қытайда биринши протестант елшиси болды ҳәм 1800-жылдың басында Мухаддес Китапты қытай тилине аўдарды. Бирақ ис көп қайғы-тәшиўишсиз болмады. Толық он алты жыл даўамында, Моррисон қорқынышлы аўҳалда жасады. Оның қытайлы жәрдемшиси Ако қыйнағанда азап шекпеў ушын, өзи менен бирге уў алып жүретуғын еди. Себеби егер оның ким екенин «билип қойса», азапланыўы турған гәп еди. Кейин ала Моррисонның мийнети баҳаланып, Ако ол арқалы биринши болып Қудайға келди. Роберт Моррисон дәслеп улынан, кейин ҳаялынан айырылды. Бирақ ол буған да шыдам бере алды. Бүгинги күнде Макаодағы ески протестант қәбирстанында, өз жақынлары қасында болған оның қәбирин көриўге болады. Бүгинги күнде, оның ҳадал сабырлылығы Қытайдағы көплеген ер ҳәм ҳаял туўысқанларымыздың өмиринде жемис бермекте. ЖИГЕР Не ушын жигер масихый болып жүриў ушын соншелли әҳмийетли? Салоникалыларға жазылған 1-хат тийкарында жигердиң мәнисин түсиндириң (2:6–12). Еврейлерге жазылған хат (10:25) бизиң жигерди түсиниўимизге қосымша бола алады? Исенимди мойынлаў сыпатында төмендегилерди даўыслап оқың: • Енди ҳеш қашан қорқпайман. Өйткени «Қудай бизлерге қорқақлық руўхын емес, ал күш, сүйиспеншилик ҳәм салдамлылық руўхын берди» (Тимоф. 2-х. 1:7). • Енди өз өмиримде шайтанның үстемлигин сезбеймен. Өйткени «сизлер Қудайдансызлар ҳәм оларды жеңдиңлер. Себеби сизлердеги Мухаддес Руўх дүньядағы руўхтан уллы» (Юхан. 1-х. 4:4). • Енди ҳеш қашан өзимде даналық жоқ деп ойламайман. Өйткени «Қудай себепли, Масих Ийса менен қарым-қатнасқа ийемиз. Масих бизлер ушын Қудайдың даналығы болды … (Коринф. 1-х. 1:30). • Енди ҳеш қашан өзимди бир нәрсени ислеп билмеймен деп есаплайман. Өйткени «маған күш-қуўат беретуғын Ийса Масих пенен бирге ҳәмме нәрсени ислей аламан» (Филип. 4:13). • Енди ҳеш қашан жеңилиске ушырамайман. Өйткени Ол (Қудай) бизлерди бәрқулла Масихтың жеңисиниң салтанатлы жүрисинде жетелеп жүреди …» (Коринф. 2-х. 2:14). • Енди ҳеш қашан өзимди ылайықсыз сезбеймен. Өйткени «Қудай бизлердиң гүналарымызды ҳеш қашан гүна ислемеген Масихқа жүкледи. Масих пенен байланысқа ийе болған бизлер Қудай алдында усы арқалы ақландық» (Коринф. 2-х. 5:21). • Енди ҳеш қашан өзимди сәтсиз адам деп сезбеймен. Өйткени «булардың ҳәммесиниң үстинен бизлерди сүйетуғын Масих себепли үлкен жеңиске ерисемиз» (Рим. 8:37). • Енди ҳеш қашан үмитсиз болмайман. Өйткени «Саған үмит артқаны ушын, пикирин Саған бағышлағанды, толық тынышлықта сақлайсаң» (Ийшая 26:3). • Енди ҳеш қашан тәшиўиш шекпеймен. Өйткени Ийса былай деген: «Бул дүньяда қыйыншылық көресизлер, бирақ мәрт болыңлар, Мен дүньяны жеңдим» (Юхан 16:33). • Енди ҳеш қашан тынышсызлыққа берилмеймен. Өйткени «Қудай тәртипсизлик Қудайы емес, ал тынышлық Қудайы» (Коринф. 1-х. 14:33) ҳәм «Қудайдың бизлерге берген мийримли сыйларын билиўимиз ушын, бизлер бул дүньяның руўхын емес, ал Қудайдың Руўхын қабыл еттик» (Коринф.1-х. 2:12). • Енди ҳеш қашан үмитсиз жағдайымды қайғылы көрмеймен. Өйткени «Жатқаныңда қорқпассаң, уйықлағаныңда уйқың тыныш болар… Жаратқан Ийе сениң сүйенишиң болып, аяқларыңды дузаққа түсиўден сақлайды» (Сулайм. ҳикметл. 3:24–26). • Енди ҳеш қашан наразылық билдирмеймен. Өйткени «мен ҳәр қандай жағдайда да барыма қанаат етиўге үйренгенмен» (Филип. 4:11). • Енди ҳеш қашан өзимди жалғыз сезбеймен. Өйткени Ийса былай деген: «Минекей, Мен дүньяның ақырына дейин ҳәмме ўақыт сизлер менен бирге боламан» (Матта 28:20). Және де, Ол: «Сени ҳеш қашан таслап кетпеймен, ҳеш қашан қалдырмайман», — деген (Евр. 13:5). • Енди ҳеш қашан өзимди бир нәрседен ғәрезли деп сезбеймен. Өйткени «Ийемиз — Руўх. Ийемиздиң Руўхы бар жерде азатлық бар» (Коринф. 2-х. 3:17). • Енди ҳеш қашан тәшиўиш ҳәм руўхый түскинликке берилмеймен. Өйткени «барлық ғам-тәшиўишлеримди Оған тапсыраман. Ол бизлерге ғамхорлық қылады» (Петр. 1-х. 5:7). • Енди ҳеш қашан өзимде нәлет-ғарғыс бар деп сезбеймен. Өйткени «Масих бизлер ушын нәлетленгенликтен, Қудайдың Ибрайымға берген жарылқаўы Масих Ийса арқалы басқа миллетлерге несип етеди ҳәм бизлер ўәде етилген Мухаддес Руўхты исенимимиз арқалы аламыз. Масих бизлерди Мухаддес Нызамның нәлетинен қутқарды» (Галат. 3:13–14). • Енди ҳеш қашан өзимди ҳәлсиз сезбеймен. Өйткени «Жаратқан Ийе өмиримниң қорғаны» (Забур 26:1). • Енди ҳеш қашан өзимди айыплы сезбеймен. Өйткени «Масих Ийсаға тийисли болғанларға қарсы енди ҳеш қандай ҳүким жоқ» (Рим. 8:1). Мен Масихтаман ҳәм сонлықтан ҳәр қандай айыплаўдан азатпан. • Енди ҳеш қашан мүтәжликти сезбеймен. Өйткени «Қудай сизлердиң ҳәр бир мүтәжлигиңизди Масих Ийса арқалы Өзиниң салтанатлы байлығы менен қандырады» (Филип. 4:19). • Енди ҳеш қашан келешектен қорпайман. Өйткени былай деп жазылған: «„Көз көрип, қулақ еситпеген, адамның ойына кирип те шықпаған нәрселерди Қудай Өзин сүйетуғынлар ушын таярлап қойыпты“. Бирақ, Қудай буны бизлерге Өзиниң Мухаддес Руўхы арқалы ашып берди» (Коринф. 1-х. 2:9–10). Талқылаў ушын сораўлар: 1. Сизиң минезиңиздиң қайсы қәсийетлери сизге исенимде сабырлылық көрсетиўге жәрдем береди? 2. Римлилерге жазылған хатты оқып (15:4), онда айтылғанларды ис жүзинде қалай орынлаўға болатуғынын талқылаң. 3. Сиз басқаларға қалай жәрдем бересиз ҳәм оларды қалай қоллап-қуўатлайсыз? 4. Сизиң қоллап-қуўатлаўыңызға тап ҳәзир мүтәж болған досларыңыз бар ма? 5. Масихый өмирде жигер бериў қаншелли әҳмийетке ийе? 6. Сизде изге қайтыў ямаса жеңилиў бойынша азғырылыў болды ма? 7. Өмириңиздиң қыйын сәтинде өзиңиз алған жубаныш ҳаққында гүўалықты айтып бөлисиң. Түсиндирме: Он тоғызыншы бап Кеширим бериў ҳәм мийрим Егер сизлерге гүна ислегенлерди кеширсеңлер, аспандағы Әкеңиз де сизлерди кеширеди. Ал егер сизлерге гүна ислегенлерди кеширмесеңлер, Әкеңиз де гүналарыңызды кеширмейди. Матта 6:14–15 КЕШИРИМДИ АНЫҚЛАЎ Масихыйлықтың баслы негизлериниң бири сүйиспеншилик ҳәм кеширим болып табылады. Мусылманшылықта: «Исламның душпанларын өлтириңлер», — деп буйырады, иудаизм: «Көзге көз, тиске тис», — деп жәриялайды. Ал Ийса Масих: «Душпанларыңызды сүйиңлер, өзлериңизди қапа қылатуғынлар ушын ҳәм қуўдалайтуғынлар ушын дуўа етиңлер», — дейди. Кеширмеў дегенниң не екенин анықлап алыңлар. Ашық қалдырылған жерлерди келеси сөзлер менен толтырың: қапашылық туўралы ойларды қуўыў, жарасыў, ақлаў, умытыў, шыдамлылық, жол қойыў. • Кешириў толық ____________ дегенди аңлатпайды.Терең жарақатлар адам есинен ҳәмме ўақытта да өшип кете бермейди. • Кешириў ____________ дегенди аңлатпайды. Жарасыў ушын еки адамның қәлеўи керек болады. Бирақ жәбир көрген тәреп өзин қапа қылған менен жараспай-ақ, оны кешире алады. • Кешириў ______________________ дегенди аңлатпайды. Кеширим жаман яки жуўапкершиликсиз қатнасты аңлатпайды. • Кешириў өкпели-гийнели ойларды ______________________________ дегенди аңлатпайды. Керисинше, кеширим бериўши адам өкпе-гийнеге жүдә салдамлы түрде қарайды, оны итибарсыз ҳәм әҳмийетсиз деп есапламайды. • Кешириў ___________________ деген гүңгирт түсиник пенен бирдей. Олай болмағанда, жақсы мәнисте биз кеширимди мысқыллаған боламыз. Ал жаман мәнисте өмирдеги үлкен машқалаларды көзимизден жоқ қыламыз. • Кешириў айыплы адамнан оның айыбын алып таслаў ямаса _________ дегенди аңлатпайды. Адамды айыплы деп жәриялаў — судьяның иси ҳәм тек судья ғана айыплыны оның ислериниң нәтийжесинен азат ете алады. Мысалы: жаза берилген жағдайда. Кеширим — жеке баслама болып, ол жәбир шеккенди айып сезиминен азат етеди. Мухаддес Жазыў жарым-жарты яки немқурайды кеширимди талап етпейди. Кеширим толық ҳәм жуўмақлаўшы, қапа қылған адамға деген жаман сезимлерсиз, оның менен өз ара қарым-қатнасты тиклеў ҳәм раўажландырыў менен биргеликте болыўы керек. КЕШИРИМНИҢ СЫПАТЛАМАСЫ Кешириў — бул исеним арқалы исленетуғын ис. Мен басқа адамды кеширип турып, әдалатлық талабын маған қарағанда жақсырақ орынлайды деп, Қудайға исенген боламан. Бизлер не ушын кешириў кереклигимиз бойынша баслы себеплерди анықлаң: • Забур 102:3 ҳәм Колосалыларға 3:13; • Матта жазған Хош Хабар 6:14–15; 18:22, 35. Филипта жазған ң не ушын кешириўимиз кереклиги бойынша жүдә әҳмийетли үш жуўапты береди. Не ушын егер кеширим минсиз дурыс болса, ол шыпа ҳәм руўхый қайта тиклениў алып келеди? РЕҲИМ ҲӘМ МИЙРИМ «Реҳим ҳәм мийрим масихыйлықтың дүньяға берген ең жақсы сыйы». Сиз усы пикирди маққулайтуғыныңыз яки мақулламайтуғыныңызды түсиндириң. «Мәмлекет пенен жәмәәт арасындағы жақсы қарым-қатнаслар мәмлекет ушын пайдалы, ал жәмәәт ушын зыянлы». Бул пикирдиң ҳақыйқый екенлигин қалай мақуллаўға болады? Масихыйлықтың дүньяның басқа динлеринен айыратуғын баслы сыпатларын анықлаң. Талқылаў ушын сораўлар: 1. Не ушын кешириў соншелли қыйын? 2. Кеширимниң ҳақыйқый жарылқаўы неден ибарат? 3. Не ушын масихыйдың өмиринде Қудайдың реҳими менен мийрими соншелли әҳмийетли? 4. Өз қәўимиңизде «мийримниң душпанларының» қайсы бирин байқайсыз? 5. Келешекте реҳим ҳәм мийримди қалай көрсетиўди шештиңиз? Түсиндирме: VI БӨЛИМ Жеңис Жигирмаланшы бап Салтанатлы жеңимпазлар Бирақ Қудайға шүкирлер болсын! Ол бизлерди Ийемиз Ийса Масих арқалы жеңиске еристире береди. Коринфлилерге 1-хат 15:57 ҚУДАЙҒА САДЫҚЛЫҚ Мухаддес Китапта Ийсаның избасарларын бәрқулла әскерлер менен салыстырады: Тимофей. 2-х. 2:3–4 ҳәм Филиплилерге 3:13–14. Бул салыстырыў исениўшилерди қалай руўхландырыўы мүмкин? ЖЕҢИС СЫРЛАРЫ Душпан жағдайында ҳәм қуўдалаўлар ўақтында, Масихтағы ылайықлы өмирдиң төрт сыры бар. Биринши сыр — бәрқулла атанақ ағаш (Аян 17:14; 19:7–10; 5:6;) Екинши сыр — өлимнен тирилиў контекстиндеги өмир (Коринфлилерге 1-хат 15:19). Үшинши сыр — қуўдалаўларды қабыл етиў ҳәм оларға дурыс қатнаста болыў (Петр. 1-х. 4:14). Төртинши сыр — хызметтеги әскердиң ийелейтуғын орны. XX әсирде жәмәәт тарийхының өткен әсирлерине қарағанда масихыйлар көбирек азап шекти. Көп масихыйлардың турақлығының сыры неден ибарат? Төменде дүньяның ҳәр түрли еллериндеги масихыйлардың хызметтеги әскер ҳаққында айтқан сөзлери келтирилген. Сизде усындай салыстырыўлар бар ма? Хызметтеги әскерлер шеге сыяқлы. Оларды қаншелли күшлирек урсаңыз, олар исенимге соншелли күшлирек беккемленип барады. Хызметтеги әскерлер резина топлар сыяқлы. Оларды еденге қаншелли күшлирек урсаңыз, олар соншелли бийигирек ушады! Хызметтеги әскерлер гүллер сыяқлы. Оларды қаншелли күшлирек езсеңиз, олардың хош ийиси соншелли күшлирек шығады. Хызметтеги әскерлер айна сыяқлы. Олардың ҳақыйқый сулыўлығы жарқыраған нурда көринеди. Хызметтеги әскерлер қалталы шай сыяқлы. Шайдың қаншелли күшли шығатуғынын, оны тек ыссы суўға салғаннан кейин ғана билиўге болады! VII БӨЛИМ Қосымшалар 2-қосымша «Қудай ҳәм Оның азап шегип атырған жәмәәти» атлы ўаз Не себептен жәмәәт жетекшилери азапларды Қудай тәрепинен жиберилген (көп адамлардың көз қарасы) қуўдалаўлардың нәтийжеси деп есапламаў керек деген ескертиўге қулақ түриўи тийис? Бирақ Ол қуўдалаўларды Өз халқының жақсылығы ушын қоллана ма? Қуўдалаўлар қаяқтан келеди? Олардың негизи неден ибарат? Қуўдалаўларға қалай төтепки бериўге болады? Қуўдалаўлар ўақтында не қылыў керек? Қуўдалаўшылардан өш алыў қандай нәтийжелерге алып келиўи мүмкин? Израил-Палестина келиспеўшилиги өш алыўдың жақсы емеслигин қалай дәлиллей алады? 5-қосымша Иохан компаньенниң «жаңа мың жыллық босағасында» атлы баянламасынан үзинди «Ашық есиклер» атлы Халықаралық хызметтиң президенти Иохан Компаньен Халықаралық Хош Хабаршылар мәсләҳәтши кеңесинде (2000) сөзге шығып, келеси 20 жыл даўамында жәмәәтке бес бағдар бойынша урыс алып барыўға туўры келетуғынын билдирген еди. Олар төмендегилерден ибарат: 1. Идеология тараўындағы урыс Егер жер жүзи алты мәдениятқа, яғный батыс, синай, япон, индус, ислам ҳәм православ (Хантингдонның тезисине сай) атлы алты мәдениятқа бөлинген болса, онда не ушын пүткил дүнья жүзиндеги тынышлыққа келиспеўшиликте жасаўшы мәдениятлардың шегарасындағы мәмлекетлерден қәўип туўады? Лешек Колаковски: Мыналарды атап өтиў әҳмийетли: егер бизлерге деген қатнаста шыдам көрсетилсе, онда ол бийпәрўалық түсине енеди. Мысалы: бизди көз қарасымызды айтыўдан өзимизди тыйыўды сорайды. Ҳәтте, басқа адамлардың ҳәр қандай минез-қулқы яки пикири менен келисиўди талап етеди». Масихыйларды «шыдамсызлықта» айыплағанда, қандай қатнаста болыў керек? 2. Ғалаба байланыс тараўындағы урыс Қуўдалаўларға байланыслы болған келеси қәте пикирлерге қарсы не деўге болады? • «Қуўдалаўлар Қудайдан келеди». • «Жәмәәт қуўдалаўлар жағдайында жақсырақ өсип барады». • «Қуўдалаўларға қарсылық көрсетиўдиң кереги жоқ, ал оларға қуўаныў керек». • «Исенимде өсиў ушын, қуўдалаўлардан өтиў керек». 3. Руўхый тараўдағы урыс Қуўдаланып атырған жәмәәт пенен байланыс Қудайға қалай жақынлап барыў кереклигин көрсетеди. Қуўдаланып атырған жәмәәт күшли руўхый ҳақыйқыйқатларды, бизлер өз мәдениятымыз жағдайында қабыл алмаўға бейим болған ҳақыйқатларды түсиниўге мәжбүр етеди. Бул пүткил Батыс жәмәәтиниң жаңарыўында әҳмийетли болыўы мүмкин. Бул қалай болыўы мүмкин? «Тутыныў жәмийети» — бул коммунизмнен де бетер болған исенимди өлтириўши нәрсе. Сиз усы пикирди мақуллайсыз ба? Өз көз қарасыңызды түсиндирип бериң. 4. Сиясат тараўындағы урыс Солженицынның айтқанындай: «Бир дурыс сөз пүткил дүнья дәлиллеринен салмақлы болыўы керек». Егер бизге ҳақыйқатлық өз орнынан айырылып, жеңилиске ерисип атырған болып көринсе, ол қалай жеңе алады? 5. Жәмәәт тараўындағы гүрес Еркин жәмийеттеги рәсмий деноминациялардың масихыйлары қуўдаланып атырған жәмәәт ушын тәсирли дуўа етиўди, оны қоллап-қуўатлаўды ҳәм оған жәрдем бериўди өзлери қалай үйрене алыўы ҳәм сол нәрселерге бир-бирин қалай үйрете алыўы мүмкин? 6-қосымша Әдалатлы урыс теориясы Әдалатлы урыс баслы үш негизди тастыйықлайды: • әдалатлы себеп; • урысты баслаў ушын нызамлы тийкар; • жақсы нийетлер. Әдалатлы урыс теориясына қарсы тийкарғы қарама-қарсылықлар үш пункттен ибарат: Бириншиден, бул теория тийкарғы масихый көз қарасларға, яғный Мухаддес Китаптың көз қарасына да, диний көз қарасқа да туўры келмейди. Екиншиден, бул теория анық сыпатламаларды да, заманагөй урыстың улыўма сыпатламасын да есапқа алмайды. Урыстың әдеп-икрамлық мәниси бойынша қанаатландырарлы пикирге ерисиўге ҳәрекет етиў керек болса, онда буларды сөзсиз нәзерде тутыў тийис. Үшиншиден, бул теорияда анық емес ҳәм қарама-қарсы нәрселер көп болып, оны ис жүзинде қолланыў қәлеген нәтийжелерге алып келмеўи таң қаларлық нәрсе емес. Не ушын сиз әдалатлы урыс теориясын жақлайсыз ямаса оған қарсысыз? 7-қосымша Майкл Бурдо. Совет дәўириниң сабақлары Майкл Бурдо совет ҳүкимети заманында масихыйлардың қуўдаланыўы Рим империясы дәўириндеги масихыйлардың қуўдаланыўы менен айырмашылыққа ийе екени ҳаққында айырым дәлиллерди атап өтеди. Совет ҳүкимети дәўиринде масихыйлардың қуўдаланыўын тарийхынан қандай жуўмақ шығарыўға болады? 8-қосымша Коммунизмниң қыйралыў тарийхынан «ашық есиклер» хызмети алған сабақлар 1-сабақ. Пүткил ел ишинде еркинлик дәрҳал орнатылмайды. 2-сабақ. Еркинлик жийи-жийи әдеп-икрамлықтың кризисине алып келеди. 3-сабақ. Жалған тәлийматлар ақыл-ойларды ийелеп алады. 4-сабақ. Батыс елшилери менен бирге ислесиўдиң жоқ болыўы жәмәәтлердиң бөлиниўине алып келеди. 5-сабақ. Жәмәәт басқарыўшылығында дағдарыс болып өтеди. 6-сабақ. Масихыйлар сиясий тәсирге ийе болмайды. 7-сабақ. Коммунизмниң қулаўы диний еркинликке кепиллик бермейди. 8-сабақ. Жергиликли миссиялар ҳәм Хош Хабарды жәриялаў ушын кең мүмкиншиликлер пайда болады. Бул сабақларды заманагөй Россияда қалай пайдаланыўға болады? Ескертпелер 1. Пацифистлер бул сораўға «яқ» деп, ал әдалатлы урыслар тәрепдарлары болса, «аўа» деп жуўап береди. — Түп нусқа редакторының түсиндирмеси.