Джош ҳəм Дотти Макдауэлл ДУРЫС ТАҢЛАЎ Ақыл-нәсият бериўши мухаддес жазыўдағы ўақыялар Бизлер жақсы көрген ҳәм мақтанатуғын мурындық баламыз Кайға арналады. Дшож ҳәм Дотти Макдауэлл Миннетдаршылық Усы китапқа баҳасыз үлес қосқан адамларға бизлер миннетдаршылығымызды билдиргимиз келеди: Синди Питтс, көплеген мухаддес жазыў ўақыяларының қолдан жазылған түрин жыйнап ҳәм таңлаў иследи, бул нәрсе бизлерге китаптың қандай болыўы керек екенлигин көз алдымызға келтириўге мүмкиншилик берди. Робин Карри, ол усы тарийхый ўақыялар үстинен жумыс алып барыў даўамында дурыс таңлаў деген теманы ашып берди ҳәм онда «Жақсыны жаманлықтан айырыў» деген пикирди сәўлелендирди. Сондай-ақ бул балалық шын жүрекликти жеткерип берип, тарийхый ўақыяларды балалар ушын түсиникли тилде айтып берди. Tyndale House Publishers хызметкери Бетти Фри өзиниң туўры ўазыйпасынан тысқары мийнет иследи, соның ушын ҳәр бир ўақыя көркем анықлыққа ҳәм айқынлыққа ийе болды. Бизлердиң хызметкеримиз Дейв Беллис ол 12 жыл даўамында усы проекти басқарыўды иске асырды ҳәм «Жақсыны жаманнан айырыў» атлы ҳәрекет пикири менен ҳәмме китаптың мәнисин сәйкеслестирип келтирип шығарды. Карл Уитэкр Мейерге ҳәм Tyndale House Publishers ислейтуғын қалған ҳәмме досларымызға, олар ата-аналарға Қудайдың ҳақыйқатлығын балаларға қалай жеткерип бериў бойынша үлкен шеберлик көрсетти. Сениң таңлаўың Сен не жеўиң керек? Ҳәм қалай кийиниўиң керек? Не сөйлеў ҳәм калай тараныў керек? Сен таңлаўың керек, таңлаў әпиўайы емес, Ҳәр күни сениң алдыңда сораўлар турады. Аўа, ямаса яқ? Үлкен я бирде кишкентай? Басқалар менен бөлисиў я бирде ҳәммесин өзиңе алыў керек пе? Бул дурыс болама? Мүмкин дурыс емес шығар? Күни бойы сен жуўап таңлаўың керек. Дүнья Қудай тәрепинен жаратылған еди ҳәм Қудай — сениң Жаратыўшың. Ол қәлеген жуўапты биледи, ең қыйын жуўапларды да! Мухаддес Жазыў ўақыяларын оқый отырып, Қай жерде ҳакыйқат, қай жерде өтирик екенлигин ойланатуғын, қаҳарманларды сен түсинесең. Мухаддес Китапта бир қаҳарман ақмақшылықты таңлады. Басқа биреў ҳәмме затты дурыс иследи ҳәм Қудайға унады. Усы тарийхларды оқы — жақсылық жасаўды үйрен, Және узақ өмир ойынында дурыс таңлаў қабыл ет. (Китаптан сулыў сүўретлерди қарап шық ҳәм кишкентай күлип турған шегирткелерди тап!) Биринши бағ Жаратылыс 2:4–3:23; 5:4–5 АДАМ-АТА МЕНЕН ҲАЎА-ЕНЕ ҚУДАЙДЫҢ БУЙЫРЫҒЫН ОРЫНЛАДЫ МА? ЯМАСА ОЛАР ҚУДАЙҒА ҚУЛАҚ САЛМАДЫ МА? Бийик таўлары менен, шақалары жайылып туратуғын тереклер ҳәм ҳәтте епсиз бегемотлары менен, — Қудай әжайып дүньяны жаратты. Қудайдың жаратқанларынан ләззет алыў ушын ҳәм олар ҳаққында ғамхорлық етиў ушын Қудай ҳәтте адамларды жаратты. Жаратылған адамларды Қудай Адам-ата ҳәм Ҳаўа-ене деп атады. Қудай жаратқан дүнья оларға қатты унайтуғын еди. Пайдалы ҳәм мазалы мийўелери: жасыл буршақ, алмурт, жүзимлерге мол болған бағ оларға унады — усылар менен олар тойды. Бирақ, Адам-ата менен Ҳаўа-енеге ҳәммесинен бетер бағда Қудай менен бирге болыў унар еди. Қудай адамларды жүдә жақсы көрер еди. Шыны менен де Қудай оларды қатты жақсы көрди, оларға Өзине бойсынып жасаўға жәрдем бериўди тиледи. Соның ушын Қудай Адам-ата ҳәм Ҳаўа-енеге, олар шуғылланыўы мүмкин болған көп кәраматлы жумыслар ҳаққында айтып берди. Ҳеш ўақытта ислеўге болмайтуғын жалғыз нәрсе туўралы алдын-ала ескертти. Қудай бағдың ортасында өсип турған теректи көрсетип, былай деди: «Бул теректиң мийўесин жемең. Егер оннан жесеңлер өлесизлер». Қудай Адам-ата менен Ҳаўа-енениң Оған бойсыныўын ҳәм оларды жаманлықтан сақлаўды қәлеп еди. Сондай болғанда олар бул әжайып бағда мәңгилик жасар еди. Қудай жаратқан жылан да бағда жасайтуғын еди. Қудай жаратқан нәрселердиң ҳәммесиниң ишинде жылан ең ҳийлекери ҳәм оңбағаны болды. Жылан Қудайды ҳәм Ол жаратқан дүньяны ҳәм бағда жасайтуғын адамларды жақсы көрмейтуғын еди. Мине бир күни жылан Ҳаўа-енини сөзге айландырып ҳәм оннан былай деп сорады: — Не ушын сизлер Адам-ата менен бағтың ортасында өсип турған терек мийўесин жемейсизлер? Қудай бизлерге бул мийўени жеўге қадаған етти. Егер биз Оның қадаған еткенин бузсақ, онда өлемиз, — деп жуўап берди Хаўа-ене оған. Усы жерде жылан былай деп билдиреди: — Сизлер усы теректиң мийуесин жесеңлер өлмейсизлер. Керсинше сизлер усыны жесенлер көп-көп затты билесизлер ҳәм сизлер Қудай сыяқлы боласызлар. Ҳаўа-ене қадаған етилген теректиң бир мийўесине тигилип қарап, оның жақсы екенлигин көрди ҳәм оның мазасының қандай екенлигин билгиси келди. Демек, Ҳаўа-ене әҳмийетли таңлаў жасаў керек еди. Ҳаўа-ене Қудайдың буйырығын орынлаўы ҳәм қадаған етилген мийўени жемеўине болар еди. Ямаса Ҳаўа-ене Қудайды тыңламай ҳәм көринисинен иштейли болған мийўени жеп көриўине болар еди. Ҳаўа-ене өз қәлеўине жол берип, бир-неше мийўени жулып алып жеди. Ҳаўа-ене бул мийўени Адам-атаға берди ҳәм ол да жеп көрди. Адам-ата ҳәм Ҳаўа-ене Қудайды тыңламады, соның ушын да олар бағды таслап кетиўге мәжбүр болды ҳәм баслаў кыйын болып, көп мийнет етиў керек болды. Олар бул әжайып бағқа хеш ўақытта қайтып келе алмайтуғын еди. Жыллар өтти. Адам-ата ҳәм Ҳаўа-ене қартайып, соңында өлди. Қудай Адам-ата менен Ҳаўа-енени жақсы көрди. Бирақ, олар надурыс таңлаў жасап, Қудайдың буйырығын орынламай, Оны қапа қылды. Еске түсирейик Бейиште Қудайдың жаратқанларының ишинде ең ҳийлекери ким болды? Қудай адамларға қандай буйрық берди? Адам-ата менен Ҳаўа-ене дурыс таңлаў жасады ма ямаса надурыс па? Бағдан қуўылғаннан кейин, Адам-ата менен Ҳаўа-енеге не болды? Өз таңлаўың үстинде ойлан Қудайға бойсыныў деген не, усы ҳаққында өз түсинигиңди айтып бер (Рухсатсыз биреўдиң затын алма ҳəм өтирик сөйлеме, мийирбан бол, Қудайдың жаратқанларын қəдирле, ата-аналар орнатқан тəртип бойынша жүр) Шаңарағыңда қандай тəртип орнатылған? Дурыс таңлаўды үйрен Бир домалақ қағазға қайғылы адамның жүзин сал, ал екинши қағазға қуўанышлы жүз сал, еки қағаздың ортасына қəлем қыстыр. Ҳəр күни кеште уйқыдан алдын Қудайға өзиңниң бойсыныўшылығыңды айтып бер. Баста күн бойы сен Қудайға бойсынбағанлығың ҳаққында айт ҳəм домалақ қайғылы түрде салынған қағазды көрсет. Кейин Қудайға бойсынғанлығың ҳаққында айт ҳəм домалақ қуўанышлы түрде салынған қағазды көрсет. Бизлер Қудайға деген бойсыныўшылықты таңлағанымызда, Oл бизлерди қорғап ҳәм бизлердиң өмиримизди қуўанышлы қылады! Дуўа етейик Жаратқан Ийем, Саған миннетдармыз, себеби Сен бизлерге дурыс таңлаўымызға, Саған бойсыныўымызға жəрдем бересең. Бизлерди ҳəр түрли жаманлықтан сақлайтуғын Сениң жақсы буйрығыңа Саған миннетдармыз. Ийсаның аты менен Аўмийин. Жүзиўши ҳайўанатлар бағы Жаратылыс 6:9–9:17 НУХ ҚУДАЙҒА БОЙСЫНДЫ МА ҲӘМ КЕМЕ СОҚТЫ МА? ЯМАСА ОНЫҢ ДӨГЕРЕГИНДЕГИ АДАМЛАР СЫЯҚЛЫ, ОЛ ДА СОЛАЙ ИС ТУТТЫ МА? Қудай тәрепинен жаратылған дүньяны ҳәр түрли адамлар жайлады. Көпшилиги бир-бири менен жаман қатнаста болды ҳәм Қудайды тыңламады. Бул Жаратқанды қатты қапа қылды. Бирақ, жерде Нух атлы пәк адам жасады. Ол ҳәм оның шаңарағы Қудайды жақсы көрди ҳәм Қудайға унаўға ҳәрекет етти. Олар бағын суўғарды ҳәм үй ҳайўанларын азықландырды. Олар бир-бирин жақсы көрип, ҳәмме адамларға мийирман еди. Қудай Нух ҳәм шаңарағы ушын қуўанышлы еди. Бир күни Қудай Нухқа қайық соғыўды буйырды, ол кеме деп аталды. Қудай кеме үлкен ҳәм беккем болсын деп айтты. Кемениң ишине суў кирмеўи ушын ҳәр бир тесикти пухталық пенен ислеў керек болды. Нух үйине көз таслап, дөгерегиндеги бир неше зәйтүн тереклерин ҳәм таўсылмайтуғын шөлистанлықты көрди. Сонда Қудай Нухқа Өз режесин айтып берди: Ол жерге жаўын жибереди. Бул жаўын жердиң бетин суў баспағанша жаўа береди. Тек Нухтың оның шаңарағы кемениң ишинде толық қәўипсизликте қалды. Нухты шаңарағы ҳаққында ғамхорлық етемен деген Қудайдың берген ўәдеси қуўандырды. Оның ойынша онша үлкен емес кеме соғыў керек еди. Бирақ Нух бул туўралы ойлап үлгермеди, Қудай оған кемеге ҳәр бир ҳайўанның түринен жуп-жуптан кемеге алыўды буйырды. Демек, үлкен, жүдә үлкен кеме соғыў керек! Нух аспанға қарады, бирақ ҳеш булт көрмеди. Кемени соғып баслағанда, әлбетте ҳалық оның үстинен күлди. Солай етип, Нух дурыс таңлаў жасаў керек еди. Ол Қудайға айтыўына болар еди: «Аўа, ҳәтте жерге жаўынның бир тамшысы түспесе де ҳәм аспанда бир нухта пайда болмасада мен кемени соғаман». Ямаса Қудайға: «Як, мен кемени соқпайман. Қоңсылар мениң үстимнен күледи», — деп Нух бас тартыўына болар еди. Нух не иследи? Ол бөренелерди таярлап, қуралларын алды да кеме соғыўды баслады. Бул айрықша болған кемени Қудайдың қәлегениндей ол үлкен етип иследи. Кемениң иши қурғақ болыўы ушын ҳәмме тесиклерди питеди. Кейин Нух ҳәр түрдеги ҳайўаннан жуп-жуптан алды. Кемеге узын мойынлы жираф пенен кишкене тикенли кирпитикенлер, шаққан маймыллар менен жылдам аяқлы атлар кирди. Ең соңынан кемеге айлана алмайтуғын тасбақалар кирди. Нух ҳәм оның бала-шағасы кемениң ишине киргенде, Қудай оның артынан қапыны жапты. Сонда Нух кемениң кишкене терезесинен қарағанда жаўын жаўып баслағанын көрди. Қырық күн ҳәм қырық түн жаўын жаўды. Қудайдың айтқанындай суў ҳәмме жерди басты. Бирақ кемениң иши қурғақ болды, ондағы адамлар ҳәм ҳайўанатлар толық қәўипсизликте болды. Ақыры жаўын тоқтады ҳәм күн шықты. Жер толық кепкеннен кейин, кемениң ишиндегилердиң сыртқа шығыўына ҳеш қандай тосқынлық болмады. Нух өзиниң ҳәм бала-шағасының өмирин сақлап қалғаны ушын Қудайға рахмет айтты. Ал Қудай болса аспанға кемпирқосақты шығарды ҳәм ендигиден былай жерди суў топаны баспайды деп ўәде етти. Қудай ҳәмме ўақыт Нухты жақсы көрди ҳәм оның дурыс таңлаў жасағанына кеўли толды. Еске түсирейик Не ушын Қудай тек Нух ҳəм оның бала-шағасына қайырқом болды? Нух қандай таңлаў жасады? Бул таңлаў дурыспа ямаса надурыспа? Жерге ендигиден былай суў топанын жибермеймен деген ўəдеси ретинде Қудай аспанда қандай белги берди? Өз таңлаўың үстинде ойлан Сениң өмириңе ҳеш-қандай қəўип болмасын деп, сен аязларда тоңбасын, жəне де жаўынның астында қалып үстиң ығал болмасын деп саған Қудай шаңарақ — үй берди. Жаўын-шашынлы күни көшеге шыққаныңда саған не кийиўди буйырады? Сениң досларыңның үйлеринде мүмкин сизлердиң үйлериңиздеги қағыйдадан басқа қағыйда бар шығар? Сен ҳəмме ўақыт ата-анаңа қулақ асасаң ба? Дурыс таңлаўды үйрен Өзиңниң дөгерегиңе ҳайўан қуўыршақларыңды қой ҳəм өзиңди Нух деп, ал кроватыңды Нух соққан кеме деп ойла. Сен Нух сыяқлы Қудайдың буйрығын орынлағың келе ме ямаса Қудайға унаўға урынбаған сол адамлардың изинен жүргиң келе ме? Қудайға бойсыныў дегенимиз дөгеректеги адамлардың ислеген ислерин бизлердиң ислеўимизден бас тартыў дегенди де аңлатыўы мүмкин Дуўа етейик Жаратқан Ийем, қандай бахыт, Саған бойсынып жасап — ҳəтте басқа адамлар булай ислемесе де, бизлер дурыс таңлаў жасай аламыз. Саған миннетдармыз, себеби Сен бизлерди қəлеген жаўын шашыннан қорғайсаң. Ийсаның аты менен Аўмийин. Оны дым жоқары қурыңлар! Жаратылыс 11:1–9 АДАМЛАР ҚУДАЙДЫҢ ҲӘММЕНИҢ ҮСТИНЕН БАСҚАРАТУҒЫНЫН ТӘН АЛДЫ МА? ЯМАСА ОЛАР ҚУДАЙ МЕНЕН ТЕҢ БОЛЫЎ ҒА УРЫНДЫ МА? Дым ерте заманларда бир күни көплеген қурылысшылар есапсыз көп-көп гербиш қуйыў ушын жыйналды. Гербишти азанда иследи. Күндиз иследи. Кеште иследи. Ҳәтте түнде де иследи. Адамлар усындай көп сандағы гербишлерди ислей алды, өйткени олар бир-бирин түсинер еди. Бирдей затларды олар уқсас деп атады. Қурылысшы ушын керек болған ылайды ылай деп атады. Кимге суў керек болса «суў» деген сөзди айтты. Оны қәлеген адам не ҳаққында айтылып атырғанын түсинди, оған суў әкелип берди. Кимге сабан керек болса, тек ғана «сабан» деди. Ҳәм оны қәлеген адам түсинип, сабан әкелип берди. Не ушын бул адамлар күни түни гербиш қуя берди? Себеби олар оғада үлкен нәрсе қурыўды жобаластырды. Олар қала қурып, онда аспанға жететуғын бийик ҳәм беккем минара қурмақшы болды. Адамлар усы минараны қурып болсақ, усы минара арқалы аспанға көтериле аламыз деп ойлады. Ҳәм сонда олар Қудай сыяқлы қүдиретли болады. Бирақ Қудай қурылыс пенен кеўли толмады. Ол бул қүдиретли нәрсени дурыс басқарыўы ушын адамларда ақыл жетиспейтуғынын билди. Олар көплеген қәтелерди жиберип, бир-бирине көп зыян тийгизиўи мүмкин еди. Солай етип, қурылысшылар әҳмийетли таңлаў жасаўы керек еди. Олар бийик минараны қурып, Қудай менен теңлесиўге умтылыў ма? Ямаса қурылысты тоқтатып, усылардың ҳәммесиниң үстинен Қудай басқаратуғынын еслерине алыўлары керек пе еди? Адамлар бийик-бийик минара қурыўын тоқтатпады. Олардың мийнетлери Қудайды қуўантпады. Соның ушын Қудай қурылысшыларды ҳәр түрли тилде сөйлейтуғын етип жиберди. Енди, биреўи ылай сораса, оған сабан алып келетуғын болды, ал басқалары оған суў әкелип берди. Адамлардың бир-бирин түсиниўи тоқтады ҳәм ендигиден былай гербиш ислей алмады. Аспанға шекем қурылған минарасы бар қала Бабилон деп аталды, себеби онда тиллер араластырып жиберилди. Соннан баслап адамлар бир тилде сөйлеўди тоқтатты. Адамлар Бабилоннан шығып, басқа қалаларды қурыўға киристи. Олардың ҳәр биринде адамлар өз тилинде сөйледи. Тез арада Бабилон босап қалды. Ҳәм Бабыл минарасы бузылған гербишлердиң үйиндисине айланып қалды. Қудай Бабилонда жасаған адамларды жақсы көрди. Ол адамлардың Қудай сыяқлы болғысы келген таңлаўды қабыл еткенине қатты қапа болды. Еске түсирейик Адамлар минараны не ушын тикледи? Бабыл минарасын қурғанлар дурыс шешим қабыл еттиме ямаса надурыспа? Қудай қалай етип минара курылысын тоқтатты? Адамлар Бабилоннан каяққа кетти? Өз шешимиңниң үстинде ойлан Шаңарағыңда ең баслы ким болып есапланады? Ал мектебиңде ше? Бизлер жасы улкенлерге қулақ салмасақ не жүз береди? Дурыс шешим қабыл етиўди үйрен Озиңниң ҳайуан ойыншықларыңа (ямаса үй хайўанларыңа) қандай да бир жақсы нəрсе ислеп көр. Соң оларға өзиңниң қандай да бир тапсырмаңды орынлаўды өтиниш етип көр. Егер олар сениң тапсырмаларыңды орынласа сенде қандай сезим болады (Егер сен усылардың ҳəммесин куўыршақларда ислеп көрсең, онда тек ғана олар тыңлайды яки болмаса тыңламайды деп көз алдыларыңызға келтирип көриң.) Қудай ҳәмме нәрсениң үстинен басқарадыҳәм бизлер ушын нениң жақсы екенлигин биледи! Дуўа етейик Жаратқан Ийем бизлерге дурыс шешим қабыллаўға жəрдем етегөр ҳəм барлық ўақытта бизлердиң өмиримизди Өзиң баскарыўыңа жол қойғаймыз. Усыларды Ийсаның атынан сораймыз. Аўмийин. Өз үйин таслап кетиўи Жаратылыс 12:1–8; 13:2 ҚУДАЙ АЛЫС ЕЛГЕ БАРЫЎЫН БУЙЫРҒАНДА ИБРАЙЫМ ОРЫНЛАДЫ МА? ЯМАСА ОЛ ЖАСАП АТЫРҒАН ЖЕРИНДЕ ҚАЛЫЎДЫ ШЕШТИ МЕ? Ибрайым ҳаялы Сара менен шатырда жасады. Шатырдың қасында үлкен ошақта олар аўқат писирди ҳәм қалың теректиң астында дем алды. Ибрайымның қойлары менен ешкилери жасыл шөплерди отлады. Оның түйелери қудыктан суў ишти. Үй сыпатында хызмет еткен шатырдың ишинде Ибрайым өзин бахытлы сезди. Ўақыт өткен сайын Ибрайым алдыңғысынан алыс емес жаңа орынларға көшип отырды. Жайлаўда от, қудықларда суў қалмаған ўақытлары Ибрайым Сара менен нәрселерин жыйнап, хызметкерлерин ҳәм падаларын алып басқа орынларға көшип барды. Ол жерде де олар шатырларын және тигип отырды. Бир күни Қудай Ибрайымға узақ елге жолға атланыўды буйырды. Ол Ибрайымға удайы жасайтуғын жер бермекши болды. Қудай Ибрайымның шаңарағының үлкен болғанын, және де олар бир-бирин жақсы көрип Жаратқан Ийе болған Қудайды алғыслағанын қәледи. «Бул жерди таслап Мен көрсеткен жаққа көш. Мен саған ғамхорлық етемен ҳәм ол жерде сениң шаңарағың мәңгиге үйли болады», — деди Қудай Ибрайымға. Ибрайым өзиниң сулыў шатырына ҳәм тыныш мал бағып жүрген шопанларына бир қарады. Бул жерде суў да, шөп те жетерли еди. Бул жерден хеш кимниң кеткиси келмес еди. Солай етип, Ибрайым әҳмийетли шешим қабыл етиўи керек еди. Ол Қудайдың сөзине қулақ салып жасап атырған жерин таслап, Қудай айтқан жаққа көшиўи мүмкин еди. Ямаса өзиниң шатырында рәҳәтленип жасай бериўи мүмкин еди. Мине, Ибрайым не иследи. Ол Қудайдың изинен ериў ушын өзиниң затларын жыйнады. Сара оған кийимлер түйилген түйиншиклерди ешектиң арқасына ҳәм аўқат байланған жүклерди түйелерге жүклеўге көмеклести. Ибрайым барлық қой-ешкилерди куўып, сыйыр ҳәм өгизлерге суў ишиўге мүмкиншилик берди. Кейин ол шатырын жыйнап, ошағын өширди ҳәм жолға атланды. Ибрайым Қудай айтқан тәрепке қарай көшти ҳәм бурынғы жерине енди қайтып келмейтуғынын билди. Жол бул Ибрайымның парызы еди. Оның менен бирге ҳаялы Сара ҳәм оның инисиниң баласы Лут бул жолды өтти. Ақырында олар жаңа жерге жетип барды, яғный, олар ол жерди бурын көрмеген еди. Бул жерде қой-ешкилерди отлатыўға көп суўға қанған шөплер бар еди. Және де, өгиз ҳәм сыйырларды суўғарыўға көп қудықларға ийе еди. Бул жерде үлкен тереклер өскен еди, оның астына шатыр қурыўға және күнниң ыссысынан саяда паналаўға болар еди. Ибрайым, Сара ҳәм Лут өзлериниң таза үйинде бахытлы еди. Олар Қудайды алғыслады ҳәм олардың әўләдлары уллы ҳалық болды. Ибрайымның жаңа жерге барғанына Қудай жүдә қуўа-нышлы еди. Ол Ибрайымды жарылқады ҳәм оған неге мүтәж болған болса ҳәмме нәрсени берди, ҳәттеки керегиненде артық берди. Еске түсирейик Ибрайымға шатырда жасаў унайтуғын еди ме? Қудай оған не буйырды? Ибрайым туўры шешим қабыл етти ме ямаса қабыл етпеди ме? Қудай Ибрайымды не менен жарылқады? Өз шешимиң үстинде ойлан Сен ҳəм сениң шаңарағың таза жерге көшиўин Қудай қəлей ме? Буны сен қалай билиўиңе болады? Өзиңиздиң үйиңизди таслап баратырып, өзиңиз бенен не алып кетесиз? Қудай Ибрайым менен бирге болған сыяқлы сизлер менен де бəрҳə бирге болады! Дурыс шешим қабыл етиўди үйрен Өзиңниң шаңарағыңның таза жерге көшкени ҳаққында айтып бер. Ямаса сениң досларың көшкенде не сезетуғының ҳаққында айтып бер. Бурынғы үйиңиздиң сүўретлерине қарап, өзиңиз бенен таза жайға не алғаныңды айтып бер. Қудай сизге қалай ғамхорлық жасады? Қудай қайда жетеклеп баратырса соның изинен жүриўимиз ушын, Oл бизлерге шешим қабыл етиўге жәрдем береди Дуўа етейик Жаратқан Ийем, қандай жақсы ҳəтте бизлер таза жерге көшсекте Сен бизлер менен биргесең. Сениң изиңнен ериў ушын бел байлаўымызға бизлерге жəрдем бер. Ийсаның аты менен. Аўмийин. Жерди бөлисиў Жаратылыс 13:5–18 ИБРАЙЫМ ЛУТҚА УНАҒАН ЖЕРИН АЛЫЎЫНА МҮМКИНШИЛИК БЕРДИ МЕ? ЯМАСА ЖАҚСЫ БӨЛЕГИН ОЛ ӨЗИНЕ АЛДЫ МА? Ибрайым Қудайды жақсы көрди ҳәм таза жерге Оның изинен ерип барды. Бул жер жайлаўға ҳәм қудыққа бай еди. Ибрайымға көп суў ҳәм шөп керек еди. Себеби ол көп қой-ешки, өгиз ҳәм сыйыр сақлайтуғын еди. Лутта да ағасындағыдай қой-ешки, сыйырлардан ибарат болған үлкен пада бар еди, оларға да көп суў және шөп керек еди. Ибрайымда да ҳәм Лутта да падасына қарайтуғын жәрдемшилери бар еди. Мине енди олар өз-ара даўласып баслады. Биреўлери жайлаўлар ҳәм қудықлар Ибрайымға тийисли болыўын қәледи. Ал, басқалары шөп ҳәм суўлар Лутқа тийисли болыў керек деп тастыйықлады. Ибрайым жаңа жерге қарады. Қудай оған жаңа жер оның шаңарағына ҳәмме ўақыт тийисли болады деди. Солай етип, Ибрайым әҳмийетли шешим қабыл етиўи керек еди. Ол өзиниң инисиниң баласына жериниң бөлегин алыўға мүмкиншилик бере алар еди. Не ушын Лут өзиниң қәлеўи менен таңлаўына болмас па еди? Я бирде Ибрайым өзиме жердиң бәрин қалдыраман деп, Лутты куўып жибериўине болар еди. Жердиң барлығы оның шаңарағына тийисли болыўын Қудай қәлейтуғынын Ибрайым билер еди, өйткени Ибрайымның әўләдлары Қудайдың айрықша таңланған ҳалқы болып, ҳәмме оның шаңарағында өз-ара даўласпай Қудайды алғыслаўы керек еди. Ибрайым Лутқа былай деп усыныс етти: «Бул манда көп жер бар. Сен қәлеген бөлегин алыўыңа болады». Лут ең қалың шөп ҳәм көп қудық бар жерди таңлады. Лут кетти. Ибрайым және өзиниң жерине нәзер салды. Усы ўақытта ол Қудайдың былай деген даўысын еситти: «Ибрайым, Мен саған үлкен шаңарақ беремен ҳәм бул жер мәңгиге сениң әўләдларыңа тийисли болады». Кейин Ибрайым үлкен өсип турған тереклик жерге жол алды. Сол жерде ол дуўа етип, Қудайды алғыслады. Қудай оның әўләдларына ҳәмме ўақыт қайырхомлық ететуғынына Ибрайым қуўанышлы болды. Еске түсирейик Жаңа жерге Ибрайым менен ким барды? Не ушын Лутқа жердиң бир бөлеги керек болды? Ибрайым туўры шешим қабыл етти ме? Лут оннан кетип қалғаннан кейин Ибрайым не қылды? Өз шешимиң үстинде ойлан Басқа адамлар менен не ҳаққында бөлисе алар едиң, қалайынша етип, бул мүмкин бе, буны Қудай қəлей ме? Ҳəр күни əлбетте Қудайды алғыслап ҳəм Оның берген сыйларына миннетдаршылық билдир. Дурыс шешим қабыл етиўди үйрен Ибрайым ҳаққында Мухаддес Китапта айтылған тарийхый ўақыяны айтып бер, маңыраған қой-ешки ҳəм мөңиреген сыйырлардың даўысларын еслететуғын сеслер менен өзиңнин гүрриңиңди алып бар. Ўақыяның Ибрайым дурыс шешим қабыл еткен жерине келген ўакытта, əлбетте кеўил көтеретуғын қатты сес шығар. Oның берген сыйлары менен бизлер Ибрайым сыяқлыбөлискенимизде Қудай қуўанады Дуўа етейик Жаратқан Ийе, Сен бизлерге беретуғын сыйларың менен, басқалар менен бөлисиўимизде дурыс шешим қабыл етиўимизге бизлерге жəрдем берегөр. Басқалар мүтаж болған нəрселерине ийе болыўы ушын, бизлердиң қолымыздан келетуғын ҳəмме затты ислеўди қəлеймиз. Ийсаның атынан, Аўмийин. Сараның баласы Жаратылыс 18:1–15; 21:1–7 ҚУДАЙ БЕРГЕН ЎӘДЕСИН ОРЫНЛАЙТУҒЫНЫНА САРА ИСЕНДИ МЕ? Я БИРДЕ ҚУДАЙ МҮМКИН ЕМЕС НӘРСЕНИ ЎӘДЕ ЕТТИ ДЕП ОЙЛАДЫ МА? Ибрайымның ҳаялы Сара сулыў шатырда жасайтуғын еди. Оған күндиз үлкен ошақта аўқат писириў унайтуғын еди, ал кеште болса аспандағы жарқырап турған жулдызларға қызығар еди. Бирақ Сара өзиндеги жоқ затты қәлер еди. Ол бала қәлер еди. Оны қолына алып жүриў ҳәм көкирегине басыўды, оған ҳәйиў айтып ҳәм Қудайдың таң қаларлық дүньясы ҳаққында гүрриң етиўди қәлер еди. Қудай Ибрайымға онда ул туўылады деп ўәде етти. Бирақ жыллар өтти ҳәм Сара сондай жасқа келди, кемпир апа, ҳәтте мама кемпир болыўы мүмкин еди. Бирақ онда елеге шекем бала болмады. Қудай бала беремен деген ўәдесин умытпағанын Ибрайым ҳәм Сараның билиўин Ол қәлеген еди. Соның ушын, Ол Ибрайымға үш адамды жиберди, негизинде олар периштелер еди. Қудайдың периштелериниң ишинде биреўи Ибрайымға былай деди: «Келеси жылы усындай ўақытта Сара бала туўады». Шатырда отырған Сара буны еситти. Ол өзинше күлимсиреп, былай деп ойлады: «Мен енди бала көре алмайман, жүдә қартайғанман». Қудайдың периштеси Ибрайымға және былай деди: «Қудай ушын мүмкин емес заттың өзи жоқ. Келеси жылы Сара бала туўады». Солай етип, Сара әҳмийетли шешим қабыл етиў керек еди. Ол Қудайға арқа сүйеп, қашан бала туўылыўын күтиўи мүмкин еди. Ямаса ол Қудай енди оған бала бере алмайды деп ойлаўы мумкин еди. Сара не иследи? Ол Қудайдың берген ўәдесиниң орынланыўын күтиўди баслады. Арадан бир жыл өткеннен кейин, Сара ул туўды ҳәм оның атын Исақ деп қойды, оның мәниси «Күлки» дегенди аңлатады, Сара шама менен жүз жаста еди. Ибрайым менен Сарада ул туўылғанда шын жүректен күлисти ғой. Бул Қудайдан келген айрықша сый еди. Енди оларда өзлеринен кейин бул дуньяда қалатуғын мийрасхор болды. Қудай ҳәтте мүмкин емес деп көринген нәрселерди де орынлайды. Сара Қудайдың берген ўәдесине исенип, дурыс шешим қабыл етти ҳәм ўәде етилген улды күтти. Еске түсирейик Ибрайым ҳəм Сара Қудайдың берген қандай ўəдесин есте сақлаўы керек еди? Қудайға арқа сүйеў Сараға неге қыйын болды? Сара туўры шешим қабыл етти ме? Туўылған балаға қандай ат қойды? Өз шешимиң үстинде ойлан Адамлар саған қандай ўəделер береди? Олар сөзинде туратуғынына сен исенесең бе? Неге аўа, я бирде неге яқ? Қудай сени сүйиўге, сақлаўға сөз береди. Сен оған исене аласаң ба? Неге аўа, я бирде неге яқ? Дурыс шешим қабыл етиўди үйрен Қудайдың сени қорғайман ҳəм сүйемен деген ўəдесин орынлағанына бир неше гүўалық келтир. Қудай саған берген ўəдесин орынлағанда өзиңниң жүзиңдеги болатуғын өзгерислерди сүўретлеп бер. Қудайдың берген ўәдесиниң орынланыўына исениў ҳәмме ўақыт бахыт алып келеди. Дуўа етейик Жаратқан Ийем, Сениң берген ўəдеңиң орынланыўын күтиўимизге бизлерге сабырлық бер. Сен берген ҳəмме ўəдениң орынланыўына исениўимиз ушын бизлерге жəрдем бер. Ийсаның аты менен Аўмийин. Дәнли быламық, яғный жарма Жаратылыс 25:19–34 ИСАБ ӨЗИНИҢ РУЎЫНА КЕЛЕШЕКТЕ БАСШЫ БОЛҒАНДЫ ҚӘЛЕП ПЕ ЕДИ? ЯМАСА ОЛ ҲӘЗИР ҲӘМ УСЫ ЖЕРДЕ ӨЗИНЕ КЕРЕК НӘРСЕЛЕР ҲАҚҚЫНДА ҒАНА ОЙЛАДЫ МА? Ибрайымның ҳәм Сараның баласы Исақ ер жетип, өзине Ребекканы ҳаял етип алды. Исақ бир күнде туўылған еки баланың әкеси болды. Балалар егиз уллар еди, бирақ сыртқы ҳәм минези менен бир-бирине уқсамайтуғын еди. Исақтың бир баласы туўылған ўақтында үстиниң бәри шаш пенен қапланқан еди ҳәм оны Исаб деп атады. Ол инисине қарағанда бир неше минут алдын дүньяға келди. Демек, Исаб үлкен баласы еди, оған туңғышлық тийисли еди — ўақыттың өтиўи менен ол өзиниң руўын басқарыўы керек еди. Исаб ер жеткенде, ол күшли адам болды ҳәм көп ўақтын аңда өткерер еди. Исақ басқа улына Яқып деген ат берди. Ол дуньяға келгенде ағасының аяғынан асылып шықты. Яқып өскенде үйден узаққа кетпеўге ҳәрекет етти. Оған Исаб алып келетуғын балық ҳәм аңлардан аўқат писириў унайтуғын еди. Соң аға-инили биргеликте Яқыптың писирген аўқатын жер еди. Яқып Исабтан бир неше ўақытқа кишкене еди ҳәм оған өзиниң руўына басшы қашан болмасын болыўын жүдә қәлер еди. Бир күни Исаб аңнан қатты аш болып келди. Якып үлкен қазанда күни бойы дәнли быламық писирди. Ым-м-м. Ол жүдә иштейиңди ашатуғындай мүңкип турды. Дәнниң ийси ҳәмме жерге тарқады. Исабты усы ийиске ийтермеледи ҳәм өзиниң жүдә аш екенлигин сезди. Бир қырма жарма ушын ол Яқыпқа ҳәмме затты бериўге таяр еди. Яқып Исабды алдамақшы болды. Мине ол, улкен ағасына былай деди: — Мен саған дәнли быламықты беремен. Бирақ сен маған туңғышлығынды бересең. Сен маған ўақыт келгенде руўымызды басқарыўыма рухсат етесең бе? Солай етип, Исаб әҳмийетли шешим қабыл етиў керек еди. Ол күтип турыўына ҳәм басқа зат жеўине болар еди. Сонда ол келешекте руўын басқаратуғын еди. Я бирде тап сол гезде дәнли быламықты жеўине болар еди. Бундай гезде оған өзиниң туңғышлығын Яқыпқа бериўине туўра келди. Исаб шынында да аш еди. Соның ушын ол Яқыпқа былай деди: — Туңғышлық сеники. Ўақыт келгенде бизлердиң руўымызға басшы болыўыңа болады. Ал, ҳәзир маған дәнли быламықты бер. Яқып ағасының илтимасын орынлады. Аш болған Исаб тоқтай алмастан жеди. Ол ҳәтте не ислеп қойғанын ойламады: өзиниң туңғышлығын бир қырма дәнли быламыққа сатты. Қудай Исабтың сондай шыдамсыз ҳәм аңқаў болып шыққанына қыйналды. Оның иниси Яқыпқа Қудай ақыллы руў көсеми болыўына жәрдем береди. Еске түсирейик Исабтан Яқып нени илтимас етти? Не ушын Исаб инисине өзиниң туңғышлығын берди? Исаб туўры шешим қабыл етти ме? Өз шешимиң үстинде ойлан Саған мүмкин емес əрманды ойлаўға туўры келди ме? Мүмкин сен толық бир қуты конфетти жеп қойған шығарсаң. Ямаса сен үлкенлер айтыўы бойынша үйиңе барыўдың орнына достың менен ойнадың. Усыннан кейин не болды? Дурыс шешим қабыл етиўди үйрен Ойланып көр, сен ушын не ислеў туўры болар еди, соңынан шеш, сен нени таңлайсаң: анаңа жəрдем бериўди ме ямаса оның ашыўына тийиў; түслик аўқатты жеў ямаса өзиңнен аўқат салынған ыдысты ийтериў; ҳəм телевизор көриў; ҳəр-күни Мухаддес Китапты оқыўды жобаластырыў ямаса бул жобадан бас тартыў. Бүгин бизлердиң таңлағанымыз, келешегимизде өмиримизди өзгертиўи мүмкин. Дуўа етейик Жаратқан Ийем бизлерге ҳəмме ўақыт керекли нəрсени ислеўимизге жəрдем ет. Ең əҳмийетли нəрсе болған — Саған хызметти ҳəм Сени сүйиўди таңлаўды есте сақлаўымызға бизлерге жəрдем етегөр. Ийсаның атынан Аўмийин. Жүнли қоллар Жаратылыс 27 ЯҚЫП ӨЗИНИҢ ӘКЕСИНЕ ШЫНЛЫҚТЫ АЙТТЫ МА? ЯМАСА ОЛ ӘКЕСИН АЛДАДЫ МА? Яқып өз руўының көсеми болыўын жүдә қәлеп еди ҳәм ол ҳийлекерлик пенен Исабты туңғышлығын сатыўға мәжбүрледи. Бирақ және оған әкесиниң жарылқаўын алыўы керек еди. Сол уақытқа келип, оның әкеси Исақ жүдә қартайған еди. Ол жаман еситетуғын ҳәм дерлик көзи көрмей қалған еди. Бир күни Яқыптың анасы Ребекка баласына былай деди: — Яқып, қара мен не ойлап таптым. Сениң ағаң Исабтың қоллары жүнли. Ылақтың жүнин ал, оны қолларыңа ора ҳәм өзиңди Исабтай етип тут. Сонда, әкең саған өз жарылқаўын береди. Яқыпқа руўдың басында турыў унар еди, соның ушын ол рийза болды. Ол қолларын ылақтың териси менен орап, әкесиниң шатырына келди. Усы жағдайға байланыслы өзи менен бирге анасының писирген аўқатын алды. Исақ гөшли аўқаттың жағымлы ийисин сезди. Бул Исабтың аңнан алып келген жабайы ҳайўанлардан писирген аўқаттың ийиси деп, — ол ойлады. Яқып болса әкесин исендирип отырмады. Исақ ҳәммесин жеп, былай деди: — Мениң үлкен балам Исабты жарылқайман. Исабтың қоллары жүнли еди. Мениң балам Исаб сен бе? Солай етип, Яқып әҳмийетли таңлаў ислеў керек еди. Ол ырас гәпти айтыўына болар еди. Бундай жағдайда әкеси оған Исабқа тийисли пәтиясын бермес еди. Я бирде ол Исабпан, — деп алдап, әкесиниң пәтиясын алғаннан соң, ол руў басшысы болар еди. Яқып не иследи? Қозының терисине оралған қолларын ол әкесине сыйпалап көриўи ушын созды. Исақтың көзи соқыр болғанлықтан баласын көре алмайтуғын еди, бирақ ол алдымда Исаб тур деп исенди. Соның ушын да оған пәтиясын берди. Солай етип, Яқып руў басшысы болды. Буны билген Исаб қатты ашыўланды. Ол сондай ашыўда еди, инисин таўып ала сала өлтириўди ойлады. Анасы Яқыпқа жолға атланыўға жәрдем еди. Яқып руў басшысы болды, бирақ ол усы ўақыялардан кейин туўған үйинде қала алмады. Ол Исабтан қашыўына туўра келди. Қудай Яқыптың өтирик айтқанына өкинди. Бирақ Ол Яқыпты жақсы көрди ҳәм ол қайда бармасын оны гүзетип барды. Еске түсирейик Яқып өзиниң əкесин қалай алдады? Яқыптың натуўры таңлаўынан не келип шықты? Өз таңлаўың үстинде ойлан Болмаған ис, қатты безелген ўақыялар ҳəм өтирик қутқарылыўлар деп аталған өтириклер арасында қандай айырмашылықлар бар? Саған шын гəпти айтыў қыйын болған гезлериңди есиңе түсире аласаң ба? Қутқарылыўда өтирик айтсаң ямаса болмаған ислерде сен өтирик сөйлесең не болады? Дурыс таңлаўды үйрен Кишкентай текшешелерден узын жол соқ, усы жол арқалы Яқып өз ағасы Исабтан қашып қутқарылды. Өзиңди Яқыптың орнына қойып көр ҳəм үйиңнен узақласқан сайын, сен не сезетуғыныңды айтып бер. Өтирик сөйлегеннен гөре ҳәмме ўақыт шынлықты айтқан жақсы. Дуўа етейик Жаратқан Ийем, бизлердиң өтирик айтқан гезлеримизди кеширегөр. Сениң кеширим беретуғынлығыңа ҳəм бизлерге болған сүйиспеншилигиңе миннетдармыз. Исаның аты менен Аўмийин. Аға-инилер Жаратылыс 32–33 ИСАБ ЯҚЫПТЫ КЕШИРДИ МЕ? ЯМАСА ОЛ ИНИСИНЕ ӨКПЕЛЕЎДИ ДАЎАМ ЕТТИРДИ МЕ? Яқып жүдә жалғыз болды. Узақ-узақ жыллар туўған үлкесинен алыста жасады. Әкесиниң үйин таслап кеткеннен кейин көп жыллар өтти. Енди оның өзиниң үлкен шаңарағы болды. Оның көп қойлары, ешкилери ҳәм түйелери болды. Оның көп сыйырлары ҳәм ешеклери болды. Бирақ оның қасында ағасы Исаб болмады. Яқып ўатанына қайтқысы келди, бирақ қорқты. Ол үйин таслап баратырғанда, Исаб қатты ашыўда еди. Мүмкин, ол елеге дейин өзиниң инисине өлим тилейтуғын шығар. Мүмкин, Исаб Яқыптың барлық бала-шағасы менен жараспақшы шығар. Яқып сондай жалғыз еди, Қудай оларды Исаб пенен жарастырады деген үмитте, ең соңында үйине қайтыўды шешти. Яқып бала-шағасы ҳәм үй маллары менен жолға шықты. Ол жолда Исабға адамларды жиберди. Ол ағасына үйге қайтып киятырғанын алдын-ала ескерткиси келди. Мине, ол елшилерден Исаб оны күтип алыў ушын киятырғанын билди. Және бир өзи емес — оның менен бирге төрт жүз адам! Бул хабардан қорққан Яқып Қудайға жалынышлы түрде өтиниш етти: — Сен маған үйге қайтыўды буйырдың, мени қорғайман деп сөз бердиң. Сен ҳәмме ўақыт мени жақсы көрдиң ҳәм маған қайырқом болдың. Мениң шаңарағым үлкен ҳәм мен ҳәзир Сениң жәрдемиңе мүтәжбен. Өтинемен Сеннен, мени Исабтан қорға. Келеси күни Яқып өзиниң падасының бир бөлегинен сый ретинде Исабқа жиберди. Яқып ағасына ешки, қой ҳәм түйелерди, сондай-ақ сыйырлар менен ешеклерди де жиберди. Бир күннен кейин, Яқып Исабты ҳәм оның гүзетиўши адамларын көрди. Елшилер Исабқа сыйды берди ҳәм усының ҳәммеси туўған иниңиз Яқыптан деди. Яқып! Ҳаў соншама жыллар өтти ғой! Қашанлардур Яқып алдаў жолы менен оның руў басшысы ҳуқықынан оны бас тартыўын мәжбүрлеген еди. Мине, енди ол үйине қайтып киятыр. Демек, Исаб әҳмийетли таңлаў жасаў керек еди. Ол төрт жүз кисилерди Яқыпты өлтирип ҳәм пүткил шаңарағын жоқ қылыў ушын жибериўине болар еди. Ямаса ол Яқыпты кеширип, надурыс таңлаў жасағанын мойынлаўына болар еди. Гәптиң қысқасы ол өзиниң туңғышлығын бир қырма жармаға сатпаўы керек еди. Исаб өзниң бала-шағасы, падасы ҳәм әскерлери менен Яқыпты күтип алыў ушын алға умтылды. Топардың басында турған Исабты ҳәм үлкен топарды көрип Яқып қорқып кетти. Бирақ ол артқа шегинбеди. Ол өз балашағасына тоқтаўды буйырды ҳәм бир өзи кетти. Яқып Исабқа әсте-әсте жақынлады ҳәм шын жүректен оны күтип алды. Исаб қолларын созып, оны қушақлады. Олар ҳәм күлисип, жыласып, ҳәм қатты даўыс пенен бир-бирин күтип алды. Қандай әжайып қайтадан бирге болыў! Ағаинилер өзлери арасында парахатшылық ҳәм келисим болыўын Қудай қәлейтуғынын билди. Қудай жол бойынша Яқып пенен бирге болды. Яқып руў басшысы болсын деп, Ол Яқыпты өз үйине алып келди. Еске түсирейик Не ушын Яқыпқа өз үйине қайтыў қорқынышлы болды? Исаб Яқыпты көрген гезде қандай ис тутты? Исаб туўры таңлаў жасады ма ямаса надурыс па? Өз таңлаўың үстинде ойлан Шаңарағыңдағы бир ағзаны қалған басқалары кешириўин қəлеген ўақыяны есле. Оған кеширим алыў аңсат болды ма ямаса қыйын болды ма? Келисимге дейин ҳəм келисимнен кейин ҳəммеси қандай сезимди басынан кеширди? Дурыс таңлаўды үйрен Қағаз бетине кишкене сықылсыз тири жанды соқ. Ол кеўил толмаўшылықты көрсетеди. Егерде шаңарағыңда кимдур ашыўланып басласа, усы сүўретти услат. Ҳəммесинен бетер ол адам сен салған сықылсыз адамды көрип ашыўланыўды қояды! Қаншелли кеширим берген ҳəм кеўил толмаўшылықтан қутылыў жақсы екенлигине исенимли бол. Ҳәмме ўақыт кеўил толмаўшылықты билдиргеннен гөре, кеширим берген жақсы. Дуўа етейик Жаратқан Ийем, басқа адамлар бизлерди өкпелетсе де ямаса алдаса да оларды кешириўимизге жəрдем бер. Ийсаның аты менен. Аўмийин. Шуқырдың ишинде Жаратылыс 37:12–35 ЮСУПКЕ АҒАЛАРЫ ЖАҚСЫ ҚАТНАСТА БОЛДЫ МА? ЯМАСА ОЛАР ОҒАН МИЙРИМСИЗЛИК ПЕНЕН ҚАТНАС ЖАСАДЫ МА? Яқыптың он еки ул баласы болды. Бир ўақытлары олар досларша мийнет етти. Ал бир ўақытлары басқа туўысқанлар сыяқлы урысты. Яқыптың бир баласының аты Юсуп деп аталады. Ол ағаларының ишинде ең кишкенеси еди ҳәм әкесиниң қасынан шықпайтуғын еди. Яқыптың үлкен балалары атызда ислеп ҳәм қойларды бақты. Юсуп ер жеткенде, ол ағаларына жәрдем берип баслады. Яқып басқа әкелерге уқсап биресе биреўине, биресе басқасына саўға ислейтуғын еди. Бирақ бир күни ол Юсупке қандайда айрықша — таза ҳәм сулыў кийимди саўға етти. Яқыптың ҳәр бир баласы белгили реңдеги: сур, жасыл, қоңыр түрдеги кийим кийетуғын еди. Бирақ Юсупке әкеси саўға еткен кийим ҳәр түрли реңде еди. Ол жерде кемпирқосақтың барлық түрлери бар еди: сары, қызыл, көк, қызғылт көк, сондай-ақ, алтын ҳәм гүмисли. Бул әжайып шапан еди. Юсуп сол гезде-ақ шапанды кийди. Ол қандай бахытлы еди! Юсупке әкеси сондай сулыў көйлекти саўға еткенин ағалары қызғанды. Бир күни түнде Юсуп ҳайран қаларлық түс көрди. Ол оянғаннан кейин түсти ағаларына айтып берди: — Түсимде сизлер он бир бийдайдың баўы сыяқлы болған екенсиз. Мен он екинши баў екенмен. Сизлер ҳәммеңиз маған бас ийгенсиз, неге десең мен ең басшысы едим. Бирақ ағалары шаңарақта киши иниси алдында бас ийиўди қәлемеди. Олар оның түси ҳаққында еситкиси де келмеди. Соның ушын, Юсуп және бир түс айтқан ўақытта олар қатты ашыўланды. Бул реттеги түсинде күн, ай ҳәм жулдыз табынды. Сонда әкеси Юсуптен сорады: — Шыны менен де, мен ҳәм сениң анаң қашанлардур саған бас ийиўге келемиз бе? Ҳәм барлық он бир ағаңлар да сениң алдыңда бас ийе ме? Юсуптиң ағалары қатты қызғаншақ еди. Олар әкесиниң кишкентай инисине берген әжайып саўғасын ҳеш умыта алмады. Ал енди болса, және Юсуп оларға келешекте олардың өзине анық табынатуғынын айтты. Солай етип, ағалары дурыс таңлаў жасаў керек еди. Олар Юсупти тынышына қойып, өзиниң жумыслары менен айланысыўы мүмкин еди. Оларға әкеси әжайып саўға бергенин ядына түсириўине болар еди. Ямаса олар Юсуптен реңли кийимди үстинен жулып алып, ол басқа олардың жолында ҳеш турмаўы ушын, ҳәтте оны өлтирип таслаўына болар еди. Ағалары не иследи? Әкесиниң өтиниши менен Юсуп атызға олардан хабар алыўға келгенде, олар Юсупке тасланды. Ағаларының жағдайы жақсы еди, ал Юсупке болса тез арада жүдә жаман болды. Ағалары оны терең шуқырға таслап, оннан реңли шапанды жулып алды. Олар Юсупти өлтирмекши болды, бирақ жолда Мысырға баратырған кәрўанды көрди. Сонда ағаларының биреўи былай деп усыныс етти: — Қәне Юсупти Мысырға, кәрўан менен баратырған саўдагерлерге сатып жиберейик. Олар солай иследи. Кейин ағалар Юсуптиң кийимин дақ қылды ҳәм оны майда бөлек-бөлеклерге бөлип таслады. Енди Юсуптиң кийими жаўыз ҳайўан менен айқасқанға уқсап қалды. Пыррым-пыррым болған кийимди олар әкесине апарып көрсетти ҳәм жабайы ҳайўан кишкентай инисин талаптаслағанына исендирди. Яқып жақсы көрген баласын қайғырып жылады. Ол баласын енди ҳеш қашан көрмеймен деп ойлады. Ағаларының Юсупке жаўызлық көрсеткени Қудайды қатты қапа қылды. Бирақ Ол Юсупти Мысырда жалғыз тасламады ҳәм ҳәмме ўақыт оның менен бирге болды. Еске түсирейик Юсуптиң жаңа кийимине ағалары қалай қатнас жасады? Киши инисиниң түсин еситип олар не сезди? Юсупти ағалары калай азаплады? Олар дурыс таңлады ма ямаса надурыс па? Өз таңлаўың үстинде ойлан Өзиңниң ағаларыңа, апаларыңа ҳəм досларыңа қызғаныўға не мəжбүр етеди? Бул сезим сени толық ийелеп алмастан бурын, сен оннан қалай етип қутылыўыңа болады? Дурыс таңлаўды үйрен Юсуптиң шапанындағы болған реңлерди қағаз бетине боя. Бояп атырып, адамларға жақсы қарым-қатнаста болыў нени билдиретуғыны ҳаққында ойлан. Соңынан сен ийе болғың келген зат бар адамға қандайда бир жақсылық исле. Қудай өзлеримизде бар затымызға қуўаныўымызды ҳәм басқаларға қызғанбаўымызды қәлейди. Дуўа етейик Жаратқан Ийе, басқа адамларға мийирман болыўымызға бизлерге жəрдем бер. Өзлеримиз қəлеген нəрсемиз ҳəтте басқаларда болса, олар ушын қуўаныўымызға бизлерге жəрдем бер. Ийсаның атынан. Аўмийин. Узақ күтиў Жаратылыс 39; 41 ЮСУП ҚУДАЙҒА ИСЕНДИ МЕ? ЯМАСА ОЛ ҚУДАЙДЫҢ ПИКИРИНЕ ГҮМАНЛАНДЫ МА? Юсуп өзиниң туўған үйинен алыста жасады. Ағалары Юсупти сатып жиберген саўдагерлер оны Мысырға алып келди. Ол жерде Юсуп бир бай Мысырлының қолында жумыс ислеўи керек еди. Юсуп жақсы хызметкер болып, оған буйырылған ҳәмме нәрсени орынлайтуғын еди. Бирақ бир күни хожайынның ҳаялы Юсупке қатты ашыўланды. Ол өтирик жол менен өзиниң күйеўин жас хызметкерин зинданға таслаўды мәжбүрледи. Енди Юсуп еркинликте ушып жүрген қусларды ҳәм өзиниң жүзинде жаўын тамшыларын сезе алмайтуғын ҳәм көре алмайтуғын еди. Оған қамақта отырыў улыўма унамайтуғын еди. Күн өткен сайын қамақтан шығыўға оған Қудай жәрдем береди деп үмит етти. Бирақ ўақыт өте берди, ал жас жигиттиң өмиринде ҳеш нәрсе өзгермеди. Солай етип, Юсуп әҳмийетли таңлаў жасаў керек еди. Ол Қудайдан жәрдем күтпей өзиниң күши менен қамақтан шығыўға ҳәрекет етиўине болар еди. Мүмкин ол бир сақшы менен келисиўине болар еди. Мүмкин ол гилтти урлап еркинликке шығыўына болар еди. Ямаса Қудайға арқа сүйеп ҳәм оның менен болып атырған ҳәмме нәрсе Қудайдың ойлап қойғанының бир бөлеги деп қойыўына болар еди. Қудай оған не ислейтуғынын ашып бериўин ол күте алатуғын еди. Юсуп Қудайға исениўди шешти. Ол қамақта көп ўақыт отырды. Қалайда бир күни оған бир адам келди. Бул тап фараонның жәрдемшиси еди. Мысырдың патшасы Юсуптиң түс жорыйтуғынын билди. Мысырдың ҳүкимдарына таң қаларылық бир түс енди. Сонда түсиниң мәнисин жорытыў ушын, ол Юсупке адам жиберди. Фараонның жәрдемшиси Юсупти сарайға алып келди. Сол жерде Юсуп, фараон өзиниң таң қаларлық түсинде жети семиз, майлы ҳәм жети азғын, арық сыйырларды көргенин еситти. Қудай Юсупке фараонның түси нени билдиретуғынын ашып берди. Сонда Юсуп былай деди: — Жети семиз сыйыр — бул жети зүрәәтли жыл. Атызда көп дән өседи ҳәм халық аш болмайды. Жети арық сыйыр — бул жети зүрәәтсиз жыл, атызда нан жоқ болып кеткенде халық аш болып баслайды. Фараон былай деп сорады: — Бизлер не ислеўимиз керек? Юсуп жуўап берди: — Зүрәәт толып тасқанда, үлкен ураларды дәнге артығы менен толтырыў керек. Бул артық дәнлерди елде ашлық басланған ўақытта пайдаланыўға болады. Юсуп фараонның бас жәрдемшиси болды. Оған Мысырдағы барлық жыйналып турған дәнлердиң есабын алыў тапсырылды. Мысырда ашлық басланды. Бирақ Юсуптиң уралары нанға толы еди. Ол усы аўысық дән қорынан мүтәж адамларға дән тарқатты. Мысырлылар Юсуптен дәнлери менен қайтып ҳәм өзлерине аўқат писирди. Қудай Юсуптиң Оған исенгенине ҳәм Оннан жәрдем күткенине кеўли толды. Қудайдың ойлап қойғаны шыны менен әжайып болды! Қудай Юсупке Мысырда белгили адам болыўына жәрдем берди. Еске түсирейик Юсуп қамақта отырған ўақытта шад кеўли қандай болды? Неге Юсуптиң шешими өз күшине арқа сүйеп, қамақтан шығыу деген натуўры таңлаў болар еди? Юсуп фараонға ҳəм барлық мысырлыларға қалай жəрдем берди? Өз таңлаўың үстинде ойлан Өз дуўаңа жуўап алыў саған узақ күтиўге туўра келди ме? Мүмкин, сен сораўыңа дəрҳал жуўап алыўды есаплаған шығарсаң. Сен Юсуп сыяқлы бола аласаң ба? Юсуп сыяқлы Қудайды күте аласаң ба ҳəм Оған исене аласаң ба? Дурыс таңлаўды үйрен Өзиңди врачтың, мүғаллимниң, аспаздың, ағаш устасының ролине қойып көр. Сен үлкейген гезде Қудай саған қандай жумыс пенен шуғылланыўыңды алдын-ала белгилеп қойғанын түсиниўиңе жəрдем береди. Қудайдың жуўабын күткен — ҳәмме ўақыт туўры шешим. Дуўа етейик Жаратқан Ийем, Сен белгилеп қойған ўақытта бизлерге жуўап беретуғыныңа Саған миннетдармыз. Ҳəр қайсымызға бола Сен ойлап қойған нəрсең ушын Саған миннетдармыз. Бизлерге Сен қалай ҳəрекет етиў керек екенлигимизди айтыўыңды күтип отырғанымызда, Сен бизлер менен бирге бол. Ийсаның атынан. Аўмийин. «Мен Юсуппен!» Жаратылыс 42–45 ЮСУП ОНЫҢ ӨМИРИНДЕ ӨТКЕН ЖАҚСЫЛЫҚЛАР ҲАҚҚЫНДА ОЙЛАДЫМА? ЯМАСА ОЛ ТЕК ЖАМАНЛЫҚТЫ ЕСЛЕЙТУҒЫН ЕДИМЕ? Ағалары Юсупти Мысырға баратырған саўдагерлерге сатып жибергеннен кейин, үйине қайтып келип, Яқыпты оның киши баласы тири емес деп исендирди. Әлбетте, ағалары Юсуптиң өлмегенин билетуғын еди. Бирақ олар оны ҳеш қашан көрмеймиз деп ойлады. Зүрәәтсиз жылдан кейин басқасы келди ҳәм атызда дән қайта шықпай қалды. Келеси жылда дәл усы қайталанды. Усындай етип жети жыл даўам етти. Ең соңында ашлықты қандыратуғын ҳеш кимде бир дәнде қалған жоқ. Бул жаман хабарлар еди. Бирақ кейин Яқып жақсы хабарларды еситти. Нан Мысырда бар! Бул елде бир дана адам үлкен дәнниң қорын иследи. Яқып өз балаларын шақырып алды. Ол балаларына Мысырға барыўды буйырды. Ол жақтан сатып алынған дәнди алып келген гезде, оннан көп етип аўқат писиреди ҳәм ашлықты умытады. Ағалар түйениң үстинде жолға шықты. Олар узақ жол жүрди ҳәм ақыры Мысырға жетип келди. Ол жерде олар көп нанды сақлап қойған белгили адам ҳаққында билип алды. Ағалар оған келген гезде, өзлерин жүдә әдепли етип тутты. Олар оның алдына бас ийип, оннан дән сатыўды илтимас етти. Яқыптың уллары өзиниң иниси менен сөйлесип атырғанын билмеген еди. Бирақ Юсуп өз ағаларын таныды. Көп жыллар бурын олар саўдагерлерге оны сатып жибергенин ол есинде сақлады. Сондай-ақ ол олардан ҳеш қашан көрмеген оның киши иниси — Бенамин әкеси менен калғанын еситти. Соның ушын Юсуп ағаларының ишинен үлкенин Мысырда услап қалды, ал басқаларынан болса қайтып келип, Бенаминди алып келемиз деген ўәдесин алып, үйине қайтарып жиберди. Юсуп ағаларының қалталарын дәнге толтырыўын буйырды ҳәм оған төленген ақшаларды оның ишине салды. Ағалары бул ақшаларды таўып алған гезде не ойларын билмеди. Юсуп олардан өш алады деп, олар қорқып кетти. Бирақ сонда да Яқыптың балалары өзлериниң қасына Бенаминди алып Мысырға қайтып келди. Юсуп олар ушын аўқат таярлап, өз үйине шақырды. Тез арада ағалар нанға толған қалталары менен кейин қайтыў ушын жолға түсти. Юсуп Бенаминниң қалтасына өзиниң алтын кесесин жасырды, олар еплеп қаладан сәл шығынқырағанда ҳызметкерине жолаўшылардың изинен барып, оларды изге қайтарыўды буйырды. Бенаминди алтын кесени урлағаны ушын оны Мысырда алып қалатуғынын айтты. Оның үлкен ағалары Бенаминди қалдыра алмайтуғынын, себеби бул хабар әкесин қапа қылатуғынын айтты. Оның ағалары соншелли мийримли болғанын Юсуп енди түсинди. Демек, Юсуп әҳмийетли таңлаў жасаў керек еди. Ол өмиринде болып өткен жақсы нәрселерди ойлаўы мүмкин еди, себеби ол Мысырда болды. Сақланып қалған дәнли уралар ҳәм усы ураларға бола адамлар аштан өлмегени ҳаққында ойланыўына болар еди. Ол өз ағаларына ашылыўына ҳәм олардың ислеген жаманлығына кеширим бериўине болар еди. Ямаса ол ағаларының оны саўдагерлерге сатып жибергенин ядына түсирип, өш алыў ушын оларды қамаққа отырғызыўына болар еди. Мине, Юсуп не иследи. Ол бақырып жиберди: — Мен Юсуппен! Сизлердиң иниңиз. Яқыптың уллары қорқыўдан қалтырасып қалды. Бирақ Юсуп оларды тынышландырды: — Мен билемен, сизлер мени өлтирмекши едиңиз. Бирақ өз шаңарағымды қутқара алыўым ушын, Қудай мени Мысырға алып келди. Бул жерде аўқат писириў ушын дән жеткиликли ҳәм бизлердиң ҳеш қайсымыз аштан өлмеймиз. Бул жерге мениң әкемди алып келиң ҳәм қайтадан ҳәммемиз бирге боламыз. Оның өмириндеги ҳәмме жаман нәрселерди Қудай жақсылыққа айландырғанын Юсуп түсинди. Юсуптиң буны түсингенине Қудайдың кеўли толды, Юсуптиң өзиниң ағаларын кеширгенине ҳәм өзиниң шаңарағына жәрдемлескенине де Қудай қуўанышлы болды. Еске түсирейик Не ушын Юсуптиң ағалары Мысырға келди? Юсуп ағаларын көргенде олардың қандай жаўызлықларын еследи? Юсуп ағаларының оған келтирген тек жаўызлықларын ғана еследи ме? Юсуп дурыс таңлаў жасады ма ямаса надурыс па? Қудай Юсуптиң өмириндеги барлық жаманлықларды қалай етип жақсылыққа айландырды? Өз таңлаўың үстинде ойлан Қандай қыйын жағдайлар сизиң шаңарағыңыз ушын жақсылыққа айланды? Тек ғана жаман нəрселерди ойлағаныңда сениң кеўлиң қандай болады? Жаманлықтың жақсылыққа айланғанын билгениңде, сениң кеўлиң қалай өзгереди? Дурыс таңлаўды үйрен Қандай да бир жаман ўақыядан басланатуғын гүрриңди тоқы. Соң жақсы ўақыя менен тамам болатуғын гүрриңди ойлап тап. Егер ҳәтте жаман нәрсе жүз берсе де, Қудайда бизлерге деген жақсы нийет бар деп исениўимиз керек. Дуўа етейик Жаратқан Ийем, қандай да бир қолайсыз жағдай жүз берседе қапа болмаўымызға жəрдем етегөр. Жаманлықты жақсылыққа айландыра алатуғыныңа исениўимизге бизлерге жəрдем бер. Ийсаның аты менен сорайман. Аўмийин. Жүзип жүриўши себет Шығыў 1:6–2:10 МӘРИЯМ ӨЗИНИҢ КИШКЕНЕ ҮКЕСИНЕ ЖӘРДЕМ ЕТТИ МЕ? ЯМАСА ОЛ ҮЙИНЕ ҚАШЫП КЕТТИ МЕ? Юсуп ҳәм оның ағалары Мысырда жайласқанына көп жыллар өтти. Енди Мысырда басқа фараон басқарды. Ол Қудайдың халқын жақсы көрмеди ҳәм фараонның атын шығаратуғын оғада үлкен қурылыста қатнасыўда мәжбүрледи. Жумыс жүдә қыйын еди: ылайдан гербиш ислеў, суў тасыў ҳәм үлкен тасларды қозғалтыў болды. Фараон Қудайдың халқы қарсы шығыўынан қәўетерленди. Соның ушын оның санының көбейиўине жол қоймаўды ол ойлап тапты. Фараон Қудайдың халқына ул балалы болыў қадаған, деп жәриялады. Усы ўақытта бир ҳаялда ул бала туўылды. Өз баласын жақсы көрген анасы оны қалай қутқарыўды ойлап тапты. Ол ҳаялдың жобасы шыны менен жүдә жақсы еди. Үш ай ол баласын ҳәммеден жасырды. Кейин беккем себет тоқып, барлық тесиклерди питеп шықты, өйткени себет суўда жүзиў ушын ҳәм түбине бос мата төседи. Ҳаял баласын жатқара алатуғындай кишкене бесик келип шықты. Соңынан ҳаял себетти ҳәм баласын Нил дәрьясына алып барды. Оның изинен ҳаялдың үлкен қызы Мәриям жасырынша ерип барды. Анасы суўдың қасында баласын сүйип, оны себетке салды. Кейин оны әсте-ақырын суўға қойды. Себет шөгип кетпеди! Балаға оның ишинде қолайлы ҳәм қурғақ болды. Анасы үйине кетти. Мәриям болса оның кишкене иниси менен не болатуғынын көриў ушын суўдың бойында қалды. Тез арада қыз биреўдиң даўысын еситти. Қыз суўдың жағасындағы қалың қамысларды ашты ҳәм дәрьяға жуўыныўға келген фараонның кызын көрди. Ол себетти байқап, ишиндеги баланы таўып алыўы мүмкин? Мәриям не ислеўи керек еди? Солай етип, кишкене қыз әҳмийетли таңлаў жасаўы керек еди. Ол дәрья бойында қалыўы ҳәм инисине көмеклесиўге умтылыўы мүмкин еди. Ямаса ол үйине қашып кетиўине болар еди. Мине, Мәриям не иследи. Ол ҳәмме затты еситиў ҳәм көриў ушын қалды. Фараонның қызы себетти байқады ҳәм бир қулына оны алып келиўин буйырды. Себеттиң түбинде жатқан балаға әсте қарады ҳәм ол баланы жақсы көрип қалды. Ол баланы Муўса деп атады ҳәм бул бөпе оның баласының орнына бала болатуғынын айтты. Сонда Мәриям фараонның қызына барып, оған былай деди: — Мен баланы бағатуғын емизиўши ҳаялды таба аламан. Сиз маған усыны ислеўиме рухсат етесиз бе? — О, аўа! Бул оның тек пайдасына болады, — деп фараонның қызы жуўап берди. Мәриям анасы менен әжайып хабарды бөлисиў ушын үйине асықты: оған кишкене Муўсаны оларға алыўына ҳәм оны фараонның қызы ушын емизиўди рухсат етти! Бул оның өмирин сақлайды. Қашанлардур Муўса фараонның сарайында жасайтуғын болады! Мәриям өз шаңарағына жәрдем бергенине Қудай қуўанышлы болды. Кишкене Муўса қәўипсизликте болыўы ушын Мәриям ғамхорлық етти. Бул Қудайдың жобасына кирди! Еске түсирейик Не себептен анасы кишкене баласы ушын себет тоқыды? Баланың үлкен қыз апасы кишкене үкесине қалай көмеклести? Мəриям дурыс таңлаў жасады ма ямаса надурыс па? Өз таңлаўың үстинде ойлан Өз шаңарағыңа жəрдем бериўиң ушын қандай мүмкиншиликлерден пайдаланасаң? Сенде жəрдемге келиўдиң орнына қашып кеткиң келген жағдай бола ма? Усындай жағдайда сен не ислеўиң керек? Дурыс таңлаўды үйрен Муўсаны суўдың бетинде қалай услап турғанын көз алдыңа келтириў ушын, суўдың бетине үлкен қағазды қой. Соң жасы үлкен адамлардың жəрдеми менен суўдағы қəўипсизлик қағыйдаларының дизимин жаз. Сен ҳəр қайсысына усы қағыйдаларды сақлаў кереклигин еслетип тура аласаң ба? Бизлер Қудайдан басқа адамларға қалай жәрдем бериў кереклигин көрсет деп сорай аламыз. Дуўа етейик Жаратқан Ийем, басқаларға пайдамыз тийиўимиз ушын бизлерге байланыслы болған ҳəмме нəрселерди ислегимиз келеди. Бизлерге ҳəр күни өз шаңарағымызға қалай жəрдем бериў кереклигин көрсет. Ийсаның аты менен. Аўмийин. «Тек мени емес!» Шығыс 2:11–4:20 МУЎСА ҚУДАЙДЫ ТЫҢЛАДЫ МА? ЯМАСА ОЛ ҚУДАЙ АЙТҚАН НӘРСЕГЕ БИЙПАРЎА БОЛДЫ МА? Муўса Мысырда сарайда шахзададай болып тәрбияланды ҳәм фараонның үлкен баласы сыпатында жасады. Бирақ Муўса өзиниң шыны менен де Қудайдың халқынан екенлигин билди. Муўса фараонның өзиниң ўатанласларын аўыр жумыс ислеўге мәжбүрлеп атырғанын көрди ҳәм оларды қулларға айландырғанына жүдә қапа болды. Ол Қудайдың халқына жәрдем бергиси келди, бирақ исти ойланбастан баслады. Оның жәрдем бергиси келген усылы Қудайға унамады. Оның үстине Муўса өзине фараонның ашыў-ызасын топлады. Соның ушын Муўса Мысырдан қашып кетиўине туўра келди ҳәм узақ жыллар шопан болды. Мине бир күни Муўса қой бағып жүргенде, ол таң қаларлық жарық көрди. Бул жанып турған путалық еди, бирақ жалын оның шақаларын жағып жоқ етип жибермеди. Муўса жақынлап барды ҳәм жанып турған путалықтан Қудайдың даўысын еситти. Муўса аяқ кийимлерин шешти, себеби турған жери өзгеше жер еди ҳәм және жақынлап барды. Қудай Муўсаның және Мысырға қайтыўын қәледи ҳәм соның ушын Ол былай деди: — Мениң халқымды сен Мысырдан өзиниң жерине алып шығыўыңды Мен қәлеймен. Муўса Қудайдың еркин орынлаўға келисим берди ме? Муўса жуўап берди: — Тек мени емес! Мен қалай етип фараонды Сениң халқыңды жибериўди көндире аламан? Қудай Муўсаға: — Мен сен менен бирге боламан. Мүмкин, Муўса енди Қудайды тыңлаған шығар? Бирақ Муўса қайталады: — Тек мени емес! Адамлар маған исенбейди. Олар Сениң атыңды билгиси келеди. Мен оларға не айтаман? Сонда Қудай Муўсаға: — Мен Тиримен. Мине бул Мениң атым. Муўса енди Қудайға қулақ асты ма? Яқ, ол өзиникинде турыўын даўам етти: — Тек мени емес! Халық маған Сени көргениме исенбейди. Бул сораўға Қудай Муўсаға қолындағы шопан таяғын жерге таслаўын буйырды. Таяқ жаңа жерге тийгенде жыланға айланып кетти! Қудай Муўсаға жыланның қуйрығынан услаўды буйырды ҳәм Муўсаның қолында таяқ және жыланға айланды. — Мине усыларды Мениң халқымның көз алдында исле, — деди Қудай. Сонда олар сениң Мени көргениңди биледи. Усы сапары Муўса келисим берди ме? Яқ, ол қарсылық етиўин даўам етти: — Бирақ мен жақсы сөйлеп билмеймен ҳәм мениң сөзим түсиниксиз. Қудай Муўсаға бунысына да жәрдем беремен деди ҳәм ол менен бирге Мысырға тилге шешен оның ағасы Харон барады деп ўәде етти. Солай етип, Муўса әҳмийетли таңлаў жасаў керек еди. Ол Қудайдың буйрығын еситти ҳәм енди Қудай оннан не күтип турғанын билди. Ол Қудайдың буйрығын орынлап, Мысырға қайтып барыўы мүмкин еди. Ямаса ол керек емес болған айтысыўды даўам ете бериўи мүмкин еди. Муўса не иследи? Ол өзине Қудай не буйырған болса соны иследи ҳәм Мысырға қайтыўға келисим берди. Қудай Муўсаға Оған қулақ салғанына кеўли толды. Муўса өзиниң күшине исенбеди, бирақ Қудайдан еситкен нәрсеси ушын ол жүдә тынышсызланды. Муўса Мысырға Қудайдың халқын қутқарыўға жәрдем бериў ушын жолға шықты. Еске түсирейик Қудай Муўсадан нени илтимас етти? Муўса Қудайдың буйрықларын орынламаўы ушын қандай сылтаўларды ойлап тапты? Муўса дурыс таңлаў жасады ма ямаса надурыс таңлаў жасады ма? Өз таңлаўың үстинде ойлан Сен барыўды жақтырмайтуғын жерлердиң биреўин еске түсире аласаң ба? Усы жерде не сезетуғыныңды Қудайға айт. Соң Оннан бир ўақытлары Қудай Муўсаға жəрдем бергениндей саған жəрдем бериўин сора. Дурыс таңлаўды үйрен Гезектеги машинадағы сапар ўақтында Қудай сениң менен бирге екенлиги ҳаққында ойлан. Ҳəр-бир жобаластырылған ямаса мəжбүрий жағдайда сен былай деўиңе болады: «Қудай усы жерде (банкте, китапханада, дүкəнда ҳ.т.б.) бизлер менен». Қудай бизлерден нени талап етсе, соны орынлаўымызға бизлерге жәрдем береди. Дуўа етейик Жаратқан Ийем, бир ўақытлары Сен бизлерден талап ететуғын нəрселерди орынлаўымыз бизлерге қыйын болады. Сениң буйрықларыңды орынлаўымызға бизлерге батырлық бер жəне Сен ҳəмме ўақыт, ҳəмме жерде бизлер менен бирге екенлигиңе исеним бер. Ийсаның аты менен. Аўмийин. «Яқ!» Шығыс 7–10 ФАРАОН ҚУДАЙДЫҢ ҚҮДИРЕТЛИ КҮШИНЕ ИСЕНДИ МЕ? ЯМАСА ОЛ ҚУДАЙ ҚҮДИРЕТЛИ ЕКЕНЛИГИНЕ ИСЕНБЕДИ МЕ? Муўса ҳәм оның ағасы Харон Мысырға қайтып келди. Олар фараонға Қудай Оның халқын босатсын деп буйрық бергенин айтты, бирақ фараон оларға исенбеди. Сонда Харон шопан таяғын полға ылақтырды, сол гезде-ақ таяқ жыланға айланды. Бирақ фараон бурынғыдай оларға исенбеди ҳәм Қудайдың халқын жибериў ҳаққында ҳәтте еситкиси де келмеди. — Яқ! — деди ол. Муўса фараонды израилдың Қудайы — жалғыз ҳақыйқат Қудай — Ол мысырдың Қудайларынан да қүдиретли деп ескертти. Фараон өз Қудайлары ҳаққында ойлады. Не ушын фараон Муўсаның Қудайының қүдиретин мойынлаўы керек? Ҳәм ол және былай деди: — Яқ! Сонда Қудай мысыр халқына қыйыншылық жиберди. Бул қыйыншылықлар Қудайдың өлим жазасы деп аталатуғын еди. Қудай биринши дәрья суўын қанға айландырып жиберди, кейин мысырлыларға қорқынышлы қурбақа жиберди. Сонда Муўса қайтадан фараоннан Қудайдың халқын жибериўин сорады? Бирақ Фараон: — Яқ,— деп жуўап берди. Сонда Қудай мысырлыларға кишкене аўыртып тислейтуғын шыбын жиберди, ал кейнинен болса, үлкен ийт шыбын жиберди. Қудай үй ҳайўанларына оларды өлтиретуғын аўырыў жиберди. Басқа аўырыўлардан ҳайўанлардың ҳәм адамлардың етинде ириң пайда болды. Кейнинен Қудай буршақ ҳәм шегиртке жиберди. Соңында Мысырға қараңғылық түсти. Фараонның адамлары жүдә қорқынышлы қорқыўда еди. — Енди сен Қудайдың халқын еркине жибересең бе? — деп Муўса сорады. Солай етип, фараон әҳмийетли таңлаў жасаўы керек еди. Ол Муўсаның Қудайы — қүдиретли Қудай екенлигине исенип, тәбият күшлери үстинен, ҳайўанлардың ҳәм адамлардың үстинен Қудайдың ҳүким ететуғынын мойынлаўы мүмкин еди. Сонда фараон Қудайдың халқын жибериўине болар еди. Ямаса ол ҳалықты бурынғысынша қуллықта услап турыўына болар еди. Фараон қайтадан былай деп жуўап берди: — Яқ! Фараон сонда да Қудайдың қүдиретине исенбегени ушын Қудай қапа болды. Қудай Өз халқын азат етиў ушын Муўсаны жиберди. Солай етип, Қудай қашан болса да буны ислеўге Муўсаға жәрдем береди. Еске түсирейик Қудай фараоннан неге еристи? Қудай Мысырға қандай қыйыншылықлар жиберди? Фараон дурыс таңлаў жасады ма ямаса надурыс таңлаў жасады ма? Өз таңлаўың үстинде ойлан Қудай қүдретли күшке ийе екенлигине сен исенесең бе? Сен соны умытпа Ол саған жəрдемге келиўди қəлеген гезде, күшин пайдаланады. Сен аўырып атырғаныңда, кеўилиң жаман болғанда ямаса гүлдирмама болып атырған ўақытта Қудай саған қалай жəрдем беретуғынын айтып бер. Дурыс таңлаўды үйрен Апатшылықа алып келетуғын тəбиятлы көринислерди санап бер (гулдирмама, жер қозғалыў, даўыл ҳ.т.б.) Усындай ўақытлары Қудай ҳəмме ўақыт бизлер менен екенлигин мойынлаў қандай жубанышлы? Мысырда бир ўақытлары Қудай өз халқы менен бирге болған сыяқлы, Ол бизлер менен де бирге. Қудай қүдретли екенлигине ҳәм Oл бизлерди жақсы көретуғынына бизлер қатты исениўимиз мүмкин? Дуўа етейик Жаратқан Ийем, бизлер Саған ҳəм Сениң қүдретли күшиңе исениўимизге бизлерге жəрдем бер. Сен бизлерди сүйесең ҳəм бизлер Сени сүйемиз. Ийсаның аты менен. Аўмийин. Пасха Шығыў 11–12 ҚУДАЙДЫҢ ҚУТҚАРАТУҒЫНЫНА ХАЛҚЫ ИСЕНДИ МЕ? ЯМАСА ҚУДАЙ МЫСЫРДАН АЛЫП ШЫҒАРА АЛМАЙДЫ ДЕП ХАЛЫҚ ОЙЛАДЫ МА? Фараон Қудайдың халқын Мысырдан қойып жибермеди. Сонда Қудай бул елге қорқынышлы өлим жазасын көп қылып берди. Муўса ҳәр бир өлим жазасынан соң Қудайдың халқын жебериўин фараоннан сорады, бирақ Мысырдың патшасы ҳәр қашан былай деп жуўап берди: — Яқ! Қудайға өлим перештесин Мысырға жибериўден басқа ҳеш жолы қалмады. Бирақ Ол алдын Қудайдың халқы усы жазадан исенимли қорғалған екенлигине исенимли болғысы келди. Соның ушын, Қудай Муўсаға басқалар не ислеў кереклигин айтыў ушын анық көрсетпелер берди: — Есиклериңиздиң ернеклерине қозының қанын жағыңлар. Бул өлим периштелери ушын бул жерге кириўге болмайды деген белги сыпатында болады. Күндеги наннан наныңыз тез писиўи ушын, сол күни наныңызға ашытқы салмаң. Сондай-ақ, қозының гөшин отқа писириң ҳәм оны жеп атырған ўақтыңызда үйлериңизди таслап шығыўға таяр болыңлар. Солай етип, Қудайдың халқы ең әҳмийетли таңлаў жасаў керек еди. Халық Қудайға исенип ҳәм керекли нәрселердиң бәрин ислеўге де болар еди: есиклериниң ернеклерине қойдың қанын жағып шығыў, тез таярлап ҳәм кешки аўқатын жеў. Ямаса Қудайдың халқы Мысыр қуллығында жүриўди даўам етиўге де болар еди. Мине ҳалық не иследи. Қалаға өлим периштеси кирместен алдын, Қудайдың халқы есиклериниң ернеклерине қозының қанын жағып шықты. Олар ашымаған қамырдан нан жапты ҳәм қуллық дәўириндеги аўыр күнлерди еслеў сыпатында ашшы шөплер менен жеди. Усы ўақытта қалада өлим периштеси аралап жүр еди. Олар тез арада жолға атланыў ушын сыртқы кийимлерин шешпестен аўқатланды. Өлим периштеси жақынлап қалған еди. Бирақ қозының қаны оларды қорғады. Өлим периштеси Қудайдың халқы жасап атырған үйлердиң қасынан айланып өтти. Олардың қатарындағы бир адам да өлген жоқ. Өлим периштеси мысырлылардың ҳәммесиниң үйине кирди ҳәм соңында фараонның сарайына атланды. Усы түнде фараон Муўса ҳәм Харонның изинен адам жиберип былай деди: — Мысырдан шығып кетиң! Қудайдың халқы еркин болды! Халқы Оған исенгени ушын ҳәм Оның айтқанларының ҳәммесин орынлағаны ушын Қудайдың кеўли толды. Қудай оларды қорғады ҳәм еркинлик берди. Еске түсирейик Қудай Өзиниң халқын өлим периштесинен қалай қутқарды? Халық Қудайға исенди ме ҳəм Оны тыңлады ма? Қудайдың халқы дурыс таңлаў иследи ме ямаса надурыс па? Фараон сол түни Муўсаға не деди? Өз таңлаўың үстинде ойлан Қудай бизлерди ҳəр түрли жаманлықлардан сақлай алады. Ол бизлерди гүналарымыздан қутқара алады. Қудайдың жəрдеми менен сен не заттан қутылыўды қəлер едиң? Дурыс таңлаўды үйрен Маца деп аталған ашымаған нанды ямаса əпиўайы дузланбаған крекерди жеп көр. Биринши пасха ўақтынан баслап ашымаған нан ҳəмме ўақыт мысырлылардың столында жатады. Бул оларға ҳəм бизлерге қутқарылыў Қудайда екенине исениў кереклигин еслетип турады. Бизлер Қудайға исениўимиз ҳәм қулақ асыўымыз мүмкин, себеби Oл бизлерди ҳәр-қандай жаманлықлардан қутқарыўды қәлейди. Дуўа етейик Жаратқан Ийем, Сен бизлерди ҳəр қандай жаманлықлардан қутқарып атырғаның ушын Саған миннетдармыз. Ийсаны бизлердиң гүналарымыздан қутқарыў ушын жибергениңе бизлердиң Саған миннетдаршылығымыз қандай уллы. Ийсаның аты менен. Аўмийин. Теңиз ортасындағы қурғақшылық Шығыў 13:17–14:31 ҚУДАЙДЫҢ ХАЛҚЫ МУЎСАҒА ОЛАРДЫ ТЕҢИЗДЕН АЛЫП ӨТЕТУҒЫНЫНА ИСЕНДИ МЕ? ЯМАСА АДАМЛАР ҚУДАЙ МУЎСАҒА ЖӘРДЕМ БЕРЕ АЛМАЙДЫ ДЕП ОЙЛАДЫ МА? Қудайдың халқы Мысырды шадлы түрде таслап шықты. Олар өзлери менен бирге ешеклер ҳәм ешкилерди, сыйырлар ҳәм қойларды алып шықты. Қудайдың халқынан Мысырда бир адамда қалған жоқ. Олардың ҳәммеси әкеси Ибрайымның жерине кетти. Үлкенлер ҳәм кишкенелер де жүрип отырды. Жас адамлар менен ғарры адамлар да жүрип отырды. Олар енди арсыз фараонның қулы емес! Олардың сыртынан қарағанда жүдә үлкен бир пикникке (қаланың сыртындағы дем алысқа) бартырған сыяқлы көринген болыўы мүмкин. Фараон болса Мысырда қалды. Оның қорқынышы кеткеннен соң, ол қайғыға батты, ал соңынан ашыўға минди. Ол алдаў жолы менен мени Қудайдың халқын жибериўге мәжбүрледи деп ашыўға минип, Муўсаны айыплады. Фараон алты жүз әскерди жыйнады ҳәм олар менен бирге қашқынларды излеўге түсти. Олар тез жүриўши саўаш арбаларда жолға шықты ҳәм өзлери менен бирге өткир найзаларын алды. Муўсаны тоқтатып, Қудайдың халқын Мысырға қайтып алып келиў деген шешим оларды толтырды. Қудай Өзиниң халқын узақ-узақларға баслап отырды. Ол күндиз олардың алдында булт бағана түринде, ал түнде от бағана түринде жүрип адамларға жол көрсетти. Ең ақырында олар алда турған қызыл теңиздиң көз жетпес айдынларын көрди. Олар артына қарады ҳәм алыс-алыс шөлистанда бурқырап аспанға көтерилген шаңды көрди. Шаңлы булттың арасынан олар қашқынларды қуўып жетип, Мысырға қайтарыўға асығып киятырған фараон менен әскерлердиң арбаларын көрди. Қудайдың халқы қорқысып қалды. Алдында теңизди, ал артында болса фараон ҳәм оның әскерлерин көрди. Соның ушын, адамлар Қудайдан оларға жәрдем бериўин жалбарынып баслады. Бирақ кейин олар Муўсаға ашыўланды: — Не ушын сен бизлерди Мысырдан алып шықтың? Бизлер ол жерде бурынғысынша қул болып қала бергенимизде еди. Бул бизлердиң мына шөлистанда өлгенимизден жақсырақ. Муўса адамларды тынышландырып, жигерлендирди: — Қорқпаңлар. Қудай сизлер ҳаққыңызда қалай ғамхорлық етип атырғанлығына тек ғана қараўыңыз керек. Ол фараонды ҳәм оның әскерлерин жеңеди ҳәм сизлерди қорғайды. Солай етип, Қудайдың халқы әҳмийетли таңлаў жасаўы керек еди. Адамлар өзлериниң көсеми Муўсаға исениўи ҳәм қалай етип ҳәрекет етиў кереклигин оларға Қудай қашан айтады деп күтиўи керек еди. Ямаса олар өзлериниң күшине исенип, қалған жағында не ислеў кереклигин өзлери ойлап табыўы керек еди. Егер адамлар Қудай бизлерге жәрдем бере алмайды деп шешкенде, олардың Мысырға қайтыўы турған сөз еди. Мине Қудайдың халқы не иследи. Халық өзлериниң көсеми Муўсаға қарады. Ол сол ўақытта Қудай менен сөйлести ҳәм ол Қудай не қәлесе солай етип иследи. Муўса ҳаса услаған қолын көтерди ҳәм теңизди көрсетти. Сол гезде-ақ, күшли самал болды ҳәм суў айдынлары тербеле баслады. Түни бойы самал ести, ал азанда болса суў бөлинип жол ашылды ҳәм теңиздиң ортасында қурғақшылықтың бир бөлеги пайда болды. Қудайдың халқы теңиздиң арғы жағасына алып баратуғын усы жолдан созылмастан жүрди ҳәм өзлерин толы қәўипсизликте сезди. Адамлардың қасында қойлар, ешкилер, сыйырлар ҳәм ешеклер жүрди. Жолдың еки тәрепинде толқынлар тербелди, суўлар шампылдап турды. Олардың артында фараонның жақынлап қалған арбаларының гүрсилдиси еситилди. Бирақ Қудайдың халқы теңиздиң ортасынан жүрип отырды ҳәм өзлерин толық қәўипсизликте сезди. Ең соңғы қозы суўдан шыққанда Қудай және Муўсаға ҳасаңды теңизге қарат деп буйырды. Ол усыны ислеген сәтте-ақ, суў өзиниң бурынғы орнына келди ҳәм ашылған қурғақ жерди жаўды. Толқынлар қосылды, солай етип, фараонды ҳәм оның әскерлерин және оның арбаларын жаўып таслады. Қудайдың халқы Муўсаға исенгени ушын қуўанды. Муўса жақсы көсем болды. Ол Қудайды тыңлады ҳәм Қудай оған халықты қорғаўы ушын ҳәтте мүмкин емес болып көринген жерде де көмеклести. Еске түсирейик Булт ҳəм от бағанасы Қудайдың халқына қалай көмеклести? Не ушын халық қорқты? Қудайдың халқы дурыс таңлаў жасады ма ямаса надурыс па? Не ушын Муўса жақсы көсем болды? Өз таңлаўың үстинде ойлан Қудай сеннен не күтип атырғанын билиўиң ушын, саған қандай жағдайда Қудайдан жәрдем керек? (мен қолайсыз жағдайға түсип қалғанымды, мени кимдур өкпелеткенде, мениң мәнисим болмағанда ҳ.т.б.) Дурыс таңлаўды үйрен Көрпе, көпшик, сүлгиден бир үлкен үйиншик жаса ҳəм ортасынан өтетуғын жол сал. Усы өткелден теңиздиң ортасынан Қудайдың халқы тез өткени сыяқлы сен де тез өт. Бизлер Қудайды жақсы көрген адамларға исениўимизге болады ҳәм бизлерге басшылық етиўине оларға рухсат етсек болады. Дуўа етейик Жаратқан Ийем, Сен барлық болып атырған нəрселерди басқаратуғыңа Саған миннетдармыз. Саған миннетдармыз, себеби бизлерге жəрдем керек гезде бизлерди басқарып турған адамларға Сен не ислеў кереклигин көрсетесең Ийсаның атынан. Аўмийин. Қудайдың жақсы нызамы Шығыў 19:16–20:21; 31:18; Мухаддес Нызамды қайталаў 5 МУЎСА ҚУДАЙДЫҢ БУЙРЫҚЛАРЫН ТЫҢЛАДЫ МА? ЯМАСА ОЛ БУЛ ҲАҚҚЫНДА ҲЕШ НӘРСЕ БИЛГИСИ КЕЛМЕДИ? Муўса ҳәм Қудайдың халқы Ибрайымның жерине қарай жол жүриўин даўам етти. Қудай оларды ҳәмме ўақытта қорғады ҳәм олар менен бирге болды. Бир күни Қудай Муўсаға таўдың басына көтерилиўди буйырды. Қудайда Өз халқы ушын бир неше буйрықлары бар еди. Бирақ адамлар Қудайдан қорқатуғын еди, сонлықтан Ол Муўсаға усы буйрықларды тыңлаўды буйырды. Қудай Өзиниң нызамларының ямаса буйрықларының адамларға керек екенлигин билди, өйткени оларды адамлар өз өмирлеринде басшылыққа алыўы мүмкин еди. Адамлар Қудайды ҳәм бири-бирин қалай жақсы көриўи кереклигин билиў керек. Қудай Муўсаға усы нызамларды Өзиниң айрықша сыйы ретинде бергиси келди. Қудай адамларды соншелли жақсы көргенликтен, олардың жеке бахты ушын Өзиниң нызамларын бериўди шешти. Адамлар Қудайдың нызамларына бойсынып жасаса, оларда ҳәммеси жақсы болады. Солай етип, Муўса әҳмийетли таңлаў жасаўы керек еди. Ол Қудайдың нызамларын тыңлап, ал соң адамларға оны қалай орынлап ҳәм бахытлы болыўын түсиндириўине болар еди. Ямаса оған Қудайды тыңлаў кереги жоқ деп шешседе болар еди. Муўса Қудайды тыңлаўды шешти. Сонда Қудай оған Өзиниң нызамларын берди: 1 Нызам: Қудайды басқа барлық нәрседен де көбирек жақсы көр. 2 Нызам: Ҳеш қандай қудайлардың сүлдерин жасама ҳәм оларға табынба. 3 Нызам: Ҳәмме ўақыт Қудайдың атын ҳүрмет пенен айт. 4 Нызам: Ҳәптениң бир күнин Қудайды алғыслаў ушын арна. 5 Нызам: Ата-анаңды жақсы көр ҳәм ҳүрметле. 6 Нызам: Адам өлтирме. 7 Нызам: Өз күйеўиңди ямаса өз ҳаялыңды өмириңниң ақырына шекем жақсы көр. 8 Нызам: Урлық ислеме. 9 Нызам: Басқа адамларға жалған гүўалық берме. 10 Нызам: Басқаның затын қатты күсеме, ол сениң пүткил ақыл-ойыңды алмасын. Қудай Өзиниң нызамларын еки тегис тасқа жазды, бул скрижали, яғный еки тас деп аталды. Оған жазылған жазыўлар жүдә әҳмийетли еди. Егер адамлар Қудайдың нызамларын орынласа бахытлы болады. Ҳәм Қудайдың оларға кеўли толады. Еске түсирейик Қудай не ушын Өз ҳалқына нызам бергиси келди? Қудай усы нызамды не ушын Мусаның тыңлағанын қəледи? Муўса дурыс шешим қабыл етти ме ямаса надурыс па? Қудайдың нызамы барлығы болып нешеў болды? Сен солардың биреўин ҳəм бир-нешесин атап бере аласаң ба? Өз шешимиң үстинде ойлан Еки-үш нызамды таңлап ал ҳəм оларды орынлаў арқалы не ушын бахытлы болатуғыныңды айтып бер. Дурыс таңлаўды үйрен Бир бет қағазға «Қудайды ҳəм бир-бириңизди сүйиңлер!» деп жазып, усы қағазды қапыға қыстыр. Сен усы қапыдан кирген ямаса шыққан ўақтыңда, усы сөзлерди даўыслап оқы. Олар жүдə əҳмийетли. Егер усы сөзлерди тек ғана оқып ғана емес, ал ис жүзинде де қоллансаң, онда сен усы нызамларды орынлаған боласаң. Қудайдың нызамын орынлаў бизлерди бахытлы етеди! Дуўа етейик Жаратқан Ийем, Саған миннетдармыз, себеби Сен бизлерге жақсы нызам бердиң. Олар бизлерди қорғайды ҳəм ол адамлар менен ҳəм Сениң менен бирге парахатшылықта жасаўымызға жəрдем береди. Бизлерге ҳəмме ўақыт дурыс шешим жасаўды ҳəм Сениң нызамларыңды сақлаўымызға бизлерге жəрдем берегөр. Ийсаның атынан Аўмийин. Муўса жоқ болып кетти! Шығыў 32–34 ХАРОН МУЎСАНЫҢ ҚАЙТЫП КЕЛИЎИН КҮТЕ ОТЫРЫП, ҚУДАЙДЫҢ БУЙРЫҚЛАРЫНА ӘМЕЛ ҚЫЛДЫ МА? ЯМАСА ӘМЕЛ ҚЫЛМАДЫ МА? Муўса таўдың төбесинде Қудай менен сөйлесип атырғанда, ҳалық оны төменде ойпатлықта күтти. Муўса көп ўақытқа дейин болмады, ал кейин адамларына келди, бирақ ол қысқа ўақытқа келди ҳәм және таўға көтерилди. Бул сапары ол көп ўақыт болмады ҳәм адамларда олардың көсеми тири екенлигине исенбеўшилик болды. Муўса узақ ўақытқа жоқ болып кетти, мүмкин ол енди қайтып келмейтуғын шығар деп ойлай баслады адамлар. Ал, егер Муўса болмаса, онда ким оның орнына Қудай менен сөйлеседи? Қудайдың халқы енди бизлерге басқа қудай керек деп шешти. Олар мысырлыларда көп қудайлары бар едиғой деп есине алды. Мысырлылар тастан кесип алып ямаса ылайдан қудайлар иследи, яғный қолдан бутларды жасады. Бир қанша бутларды олар алтыннан ислейтуғын еди. Тек ғана Қудайдың ҳалқы бул қудайлардың ҳәммеси ҳақыйқый емес ҳәм ҳеш қандай күшке ийе емес екенлигин умытты. Адамлар усы бутларды есине алып өзлериндеги алтын безеўлерди шешип, Муўсаның иниси Харонға берди. Олар усы алтынлардан көзи менен көриўге ҳәм сыйыныўға болатуғын қудайдың сүлдерин жасап бериўди оннан өтинди. Солай етип, Харон әҳмийетли таңлаў жасаў керек болды. Ол алтынларыңызды алып кетиң, Муўса әлбетте келеди деп айтыўына болар еди. Ол Қудай ҳеш қашан Өз халқын таслап кетпейди ҳәм әлбетте оларды Ибрайымның жерине алып барады деп исениўине де болар еди. Ямаса ол адамлардың алып келген безек затларын еритип оннан ҳәмме көре алатуғын бут жасаўына болар еди. Мүмкин Муўса шыны менен енди қайтып келмейтуғын шығар ҳәм енди олардың орнына ҳеш ким Қудай менен сөйлесе алмайтуғын шығар. Харон не иследи? Ол алтыннан үлкен буғаның мүсинин жасады ҳәм адамларға бул бутты, оларды Мысырдан алып шыққан Қудай деп айтыўына жол берди. Адамлар бутқа сыйлар алып келди, соннан кейин олар оның алдында қосық айтып, аяқ ойынларын ойнады. Олар алтын буғаға сыйынды, себеби Муўса енди қайтып келмейди ҳәм оның орнына ҳеш ким Қудай менен сөйлесе алмайды деп ойлады. Адамлар усы алтын буғаға сыйынып атырғанының үстине Муўса қайтып келди. Ол Өз халқына қатты ашыўланды, Қудайдың нызамы жазылған еки тас тахтайшаны жерге урып сындырды. Муўса Хароннан: сен не иследиң? — деп сорады. — Ашыўланба, — деп жуўап берди Харон. Бирақ, Муўса Харонға ҳәм халыққа усы ислеген ислери ушын Қудай қатты қапа болғанын түсиндирип берди. Муўса Қудайдың алдына және барды ҳәм Оннан Қудайдың халқын қалдырып кетпеўин өтинди. Мине, енди қолына ол басқа еки тас тахтайшаны алып түсти. Жаңасына да бурынғысындағыдай жазылған Қудайдың нызамлары жазылды. Қудайдың Муўсаға кеўли толды, соның ушын оның өтинишин орынлады. Ибрайымның жерине Өз халқын алып бараман деген ўәдесинен Қудай бас кешпеди. Қудайдың халқы узақ көшип жүриўлеринен кейин, Қудайдың ўәде еткен жерине барды. Еске түсирейик Не ушын адамлар басқа Қудай керек деп шешти? Харон дурыс таңлаў жасады ма ямаса надурыс па? Алтыннан жасалған буға менен адамлар не иследи? Қудай Өз халқына қапа болды, бирақ Ол Муўсаның өтинишин еситип, не иследи? Өз таңлаўың үстинде ойлан Сен кимди ямаса не күтиўиң керек (тис врачты ма? дүкандағы кассирди ме? Анаңның ямаса əкеңниң үйге қайтыўын ба, сорағаныңа Қудайдың жуўап бериўин бе?) Күтип отырған ўақтыңда масихыйлардың қосығын айтсаң ямаса Мухаддес Жазбадағы аятларды қайталап отырсаң, буған сен қалай қарайсаң? Дурыс таңлаўды үйрен Күтип отырған ўақтыңда сен «Саймон сөйле» деген ойынды ойнай аласаңба. Егер сен қандайда бир ҳəрекетти ислегиниңди Қудай қəлемейтуғынына исенсең (өтирик сөйлеў, рухсатсыз бир нəрсени алып қойсаң, биреўди урсаң) «Саймон сөйлейди» деген сөзди айтпа. Басқа жағдайларда сениң ис ҳəрекетлериңди Қудай қоллайтуғынына исенсең, онда «Саймон күл деп атыр», «Саймон қосық айт деп атыр», «Саймон биреўди баўырыңа бас деп атыр» — деген сөзлерди айт. Күтиў аңсат емес, бирақ бизлер Қудайға бойсынсақ күтиў узақ болып көринбейди. Дуўа етейик Жаратқан Ийем ҳəмме ўақыт бизлерге Саған бойсыныўымызға бизлерге жəрдем берегөр. Ийсаның атынан Аўмийин. Кәрнайды шертиң Нызамды қайталаў 34; Ешуа Набин китабы 6 ЕШУА НАБИН ҚУДАЙДЫҢ ИЕРИХОН ҚАЛАСЫНА БОЛА АЙТҚАН КӨРСЕТПЕСИН ОРЫНЛАДЫ МА? ЯМАСА ОЛ ӨЗ ЖОБАСЫ БОЙЫНША ҲӘРЕКЕТ ЕТТИ МЕ? Қудайдың халқы қырық жыл шөлистанда қонып көшип жүрди. Бул не деген көп ўақыт! Усы ўақыт ишинде балалары өсти ҳәм олар өзлериниң шаңарағын дүзди. Олардың көбиси кемпир ҳәм ғаррылар болып қартайды. Биреўлери ер жетти, басқалары қартайды ҳәм шөлистанда набыт болды. Ақыры Муўса ҳәм Қудайдың халқы Ибрайымның жерине жақынлады. Өзлериниң жаңа жайларына ийе болыў ушын, оларға енди Иордан дәрьясынан өтиў ғана қалды. Сол ўақытқа келип, Муўса жүдә қартайған еди. Қудай оған таўға көтерилиўин буйырды, ол жерден Муўса кең қулаш болып атырған Иордан дәрьясын көре алар еди. Муўса ўәде етилген жерди көрди ҳәм жан тапсырды. Муўса жақсы көсем болды ҳәм ол өлгенде, Қудай оның орнына жақсылығы жағынан оннан қалыспайтуғын адам болған Ешуа Набинди Өзиниң халқына көсем етип берди. Жаңадан болған көсем халықты Иордан дәрьясының арғы тәрепине өткерди. Мине, енди олар күшли дийўал менен қоршалған үлкен қала болған — Иерихонды қоршап алды. Бул қаланың турғынлары қаланы Қудайдың халқына берип қойғысы келмеди. Ешуа Набин усы жерди Қудай Өз халқына алып беретуғынына еткен ўәдесин билди. Соның ушын, ол оған Өз жобасын айтып берген Қудайды тыңлады. Қудай Ешуа Набинге былай деди: «Мениң халқым Иерихон қаласын алты күн бойына айланған ўақтыңда, сен оларды басқарыўың керек. Ал жетинши күни қаланы жети рет айланың. Сырнайды алып жүргенлер, қатты шертиўи керек. Ал кейнинен болса, халық бар күши менен бақырсын. Сизлер усылай етип ислеген ўақтыңызда, Иерихон қаласының дийўалы қулайды». Солай етип, Ешуа Набин әҳмийетли таңлаў жасаўы керек еди. Ол Қудайға қулақ салып, халықты жыйнап, оларды Иерихон дийўалын бойлап айландырыўына болар еди. Мүмкин бир адамлар буннан ҳеш қандай жақсы нәрсе келип шықпайды деп ойлаўы мүмкин. Оның үстине Иерихон турғынлары олардың үстинен күледи. Бирақ, Қудай былай деди: тап усы Қудайдың халқына қаланы басып алыўына жәрдем береди. Ямаса Ешуа Набин өз халқын кейинге қарап, Иордан дәрьясының арғы тәрепине қарап алып кетиўине болар еди ҳәм Қудай оларға бермекши болған жерди басып алыўға ҳеш ҳәрекет етпеўине болар еди. Ең ақырында қүдиретли Иерихон дийўалы тап қол жетпес болып көринер еди. Мине, Ешуа Набин не иследи. Ол өзиниң адамларын жыйнап, күнине бир мәртебе олар менен Иерихонды айланып шығар еди. Ол буны ҳәм биринши, екинши, үшинши, ҳәм төртинши, ҳәм бесинши күни, ҳәм алтыншы күни иследи. Сырнайды алып жүргенлер оны қатты шертти. Жетинши күни ҳәммеси жаңадан сапқа дизилисти ҳәм қаланы жети мәртебе айланып шықты. Сырнайды алып жүргенлер оны қатты шертти. Қала дийўалын жетинши мәртебе айланып шыққанда, сырнай және де қатты шертилди. Кейин Ешуа Набин былай деп буйрық берди: — Ўақыт болды! Бақырыңлар! Сонда, ҳәмме қолдан келгенинше бақырды. Олар бақырғаннан кейин ўақтында Иерихон дийўалы қулап түсти! Енди, Қудайдың халқы усы ўәде етилген жерде жасай алатуғын болды. Қудай Ешуа Набинге берилген көрсетпени орынлағаны ушын қуўанды. Қудайдың халқы да бахытлы болды. Енди бул халықта өз жери болды ҳәм Қудай олар менен бирге еди. Еске түсирейик Муўсаның өлиминен кейин, Қудай халқының көсеми ким болды? Қудай Ешуа Набинге не ислеўди буйырды? Ешуа Набин дурыс таңлаў иследи ме ямаса надурыс па? Иерихон дийўалы неден қулап түсти? Өз таңлаўың үстинде ойлан Сениң шаңарағыңда пайда болған машқалалар ушын сораныўға ҳəм Қудайда əпиўайы емес шешим бар екенлигин билиўиңе туўра келди ме? Қудайдың көрсетпесине ериўиңизге сизге аңсат болды ма? Дурыс таңлаўды үйрен Қағаздан бир неше сырнай исле ҳəм Иерихонды айланып жүргениңди көз алдыңа келтир. Жүрип баратырғаныңда ҳəмме көрсетпени əлбетте орынла! Дуўа еткенимизде, бизлерге Қудай дурыс көрсетпе беретуғынына исениўимизге болады. Дуўа етейик Жаратқан Ийе, Сениң ойларың ҳəмме ўақыт жүдə жақсы! Өз халқыңа беретуғын дана кеңеслериң ушын Саған рахмет айтамыз. Сениң жолыңда ҳəмме ўақыт жүриўимизге жəрдем бер. Ийсаның атынан Аўмийин. Бирге барыў Рут китабы 1–4 РУТ НАҒЫЙМАНЫ ЖАҚСЫ КӨРДИ МЕ ҲӘМ ОНЫҢ МЕНЕН БИРГЕ БОЛДЫ МА? ЯМАСА ОЛ НАҒЫЙМА ҲАҚҚЫНДА УМЫТТЫ МА? Қудай Өз халқына берген жерден онша алыс емес жерде Рут атлы жас ҳаял жасайтуғын еди. Оның жерине Қудайдың бир қанша адамлары көшип баслағанда, ол қуўанышлы болды. Төрт адамнан ибарат болған бир шаңарақ оның қасына көшип барды, олар жасаған елде ашлық басланды. Рут бахытлы еди, себеби сол шаңарақтан жас бир жигит оның күйеўи болды. Деген менен, Руттың бахты қысқа болды. Көплеген қайғылы ўақыялар болып өтти. Усы шаңарақтың басшысы өлди. Кейин Руттың күйеўи ҳәм күйеўиниң ағасы өлди. Шаңарақта төрт адамнан бир анасы қалды. Оның аты Нағыйма еди. Ол өз туўған үйинен алыста жасар еди. Ҳәм Нағыйма өз елинде жақсы нан зүрәәти жыйналғанын билди. Соның ушын, Нағыйма өз туўған қаласына қайтып барыўды шешти. Оның еки өлген баласының жас ҳаяллары оның менен бирге барыўын қәлейтуғынын айтты. Еки ҳаялдың биреўи Рут, ал екиншиси Орфа. Нағыйма оның келинлери өз туўған елинде қалса жақсы болады деп ойлағанын келинлерине айтты. Орфа Нағыйма туўры айтады деп ойлады ҳәм енесин сүйип, оның менен хошласты. Солай етип, Рут дурыс таңлаў жасаў керек еди. Ол Нағыйма менен бирге Қудайдың халқы жасап атырған жерге барыўына болар еди ҳәм сол жерде Нағыйма менен жасап, Нағыйма Қудайды сүйгени сыяқлы, оның Қудайын сүйиўине болар еди. Ямаса ол енесинен кетип, бурынғы үйине барыўына да болар еди. Ол өз жеринде жасап, Нағыйма жақсы көретуғын Қудайды умытыўына болар еди. Мине, Рут не деди: — Нағыйма, мен сен баратуғын жаққа бараман. Сениң халқың мениң халқым болады. Сениң Қудайың мениң Қудайым болады. Қартайған ҳаял өз елине бир өзи қайтпайтуғынына қуўанышлы болды. Бетлеҳемге олар аш болып, талығысып узақ жолдан келди. Боаз атлы бир жақсы адам атызында аўқатқа мүтәж болғанлар ушын дәнлерди атызында қалдырды. Жарлылар дәнлерди өзлери ушын жыйнап ала алды. Рут та усы атызға дәнлерди жыйнап алыўға келди. Соң ол өзи ҳәм енеси ушын нан жаўды. Боаз Руттың қартайған ҳаялға мийримли екенлигин аңлады. Ол Рут енесин өз туўған анасындай жақсы көретуғынын айтыўына болар еди. Боаз усы еки ҳаялдың жасаў шараятларын билгиси келди. Күн өткен сайын, Рут Нағыймаға қандай сүйиспеншилик пенен қарап атырғанын Боаз көрди. Ол усындай мийримли ҳаял ҳаққында әрман ететуғынын түсинди. Мине, бир күни ол Рутқа ҳаялы болыўын өтинди. Нағыйма сондай бахытлы болды! Енди Рут оның ата-бабаларының жеринде жасайтуғынын билди ҳәм ол да усы жерде бахытлы болады! Тез арада Боаз ҳәм Рутта ул туўылды. Кишкантай Обит Нағыйманың биринши ақлығы еди. Нағыйма бул өмирде ең бахытлы кемпир апа болды. Боаз ең бахытлы әке ҳәм Рут ең бахытлы ана еди. Обит те ең бахытлы ул болды. Қудай да қуўанышлы болды. Оның берген шаңарақты мийримли Рут сүйиспеншилик пенен ғамхорлық еткенине Қудайдың кеўли толды. Еске түсирейик Руттың Нағыймаға болған сүйиспеншилиги неде көринди? Рут дурыс таңлаў жасады ма ямаса надурыс па? Руттың жаңа шаңарағы қандай еди? Өз таңлаўың үстинде ойлан Сен өз жақынларыңа сүйиспеншилик пенен қандай ислерди ислей алатуғыныңды атап бер. Шаңарағың мүтəж адамлар менен өзинде бары менен қалай бөлиседи? Олар сен ойлағаныңа қарағанда да жақын жасайды! Дурыс таңлаўды үйрен Ўақыт, айралық, айырым ўақытлары урыслар шаңарақта келиспеўшиликлер алып келеди. Бирақ, Қудай ҳəр бир шаңарақта ҳəмме бир-бирин сүйиўин қəлейди. Сен жақсы көрген адамларыңа бүгин қоңыраў етиўди ямаса хат жазыўды қайсысы өзиңе жақсы соны сен таңла. Шаңарақта ҳәмме бир-бирине мийримли болыў, Қудайға унайды. Дуўа етейик Жаратқан Ийе, жыллы үй ошағы ушын Саған миннетдармыз. Сен ҳəр қайсымызды сүйгениң сыяқлы бизлер де шаңарағымызда бир-биримизди солай сүйиўимизге жəрдем бер. Ийсаның атынан Аўмийин. «Сеннен өтинемен, маған ул бер» 1 Патшалық 1:1–2:21 АННА ӨЗ ДУЎАЛАРЫНА ҚУДАЙДЫҢ ЖУЎАП БЕРЕТУҒЫНЫНА ИСЕНДИ МЕ? ЯМАСА ОЛ ДУЎАЛАРЫМА ЖУЎАП АЛМАЙМАН ДЕП ОЙЛАДЫ МА? Қайғы ҳәмме ўақыт Аннаның жолдасы болды. Бул ҳаял тазалықты ҳәм тәртипти сақлаған әжайып үйде жасады. Оның күйеўи күшли ҳәм жақсы адам еди. Аннада бир зат кем еди — бала ҳәм бул оны қатты қапа қылды. Ҳәр жылы Анна ҳәм оның күйеўи, Қудайға сыйыныўға арналған жерге дуўа етиў ушын баратуғын еди. Қудайдың халқы Қудайға сыйыныў ушын шатыр деп аталатуғын шымылдырыққа киретуғын еди. Гезектеги мәртебе сол жерге баратуғын ўақты келди. Солай етип, Анна әҳмийетли таңлаў жасаў керек еди. Ол шатырға барып Қудайға дуўа етип қайтыўына болар еди. Ол Қудайға өзиниң қайғыларын айтып сыйыныўына болар еди. Және, ол Қудайдың дуўаларын еситип, оларға жуўап беретуғынына исениўине болар еди. Ямаса Анна үйинде қалып қайғыларына бағыныўына да болар еди. Себеби ол Қудайдан узақ жыллар даўамында ул сораған еди, ал ол елеге дейин уллы болмады. Мүмкин, Қудай оның дуўаларын еситпей атырған шығар? Анна болса не иследи? Ол күйеўи менен Қудайға сыйыныў ушын арналған жерге жол алды. Ол шатырға кирип, дуўа етип баслады. Ол басқа ҳаяллар өз балалары ҳаққында сөйлесип атырғанда, өзин жалғыз сезетуғынын айтып, Қудайға қайғысын билдирди. Күйеўи ҳәм үйи ушын Қудайға рахмет айтты. Бирақ ол Қудайдан бала бериўин жалбарнып соранды. Және, Анна Қудайға ўәде берди. Егер онда бала болса, ол баланы Қудайға өмириниң ақырына дейин бериўине сөз берди. Оның баласы өскенде, дәрҳал шатырға Қудайға хызмет етиўге әкелемен деп ўәде етти. Сол күни шатырда Иля хызмет етти. Ол Анна дуўа етип, жылап атырған жерден онша алыс емес жерде отырып, ҳәммесин еситти. Қудай сениң дуўаларыңа жуўап береди деп, ол Аннаға айтты. Ҳаял жылаўын тоқтатып, үйине бахытлы болып қайтты. Онда еле бала болмады. Бирақ ол бахытлы еди, себеби Қудайға дуўа етип, өзиниң дәртин Қудайға төкти ҳәм жүрегинен қайғы кетти. Бир жыл өтпей Анна ул туўды! Қудай оның дуўаларын еситти! Анна өзиниң баласын қатты сүйип, оған Самуил деп ат қойды. Ол баласының қолындағы ҳәм аяғындағы бармақларын сүйди. Ол баласына ҳәйиў аптып, шомылдырып ҳәм оны аўқатландырды. Самуил өсти, үлкейди ҳәм шатырда хызмет ететуғындай керекли үлкен адам болды. Соның ушын, Анна ҳәм күйеўи баласы Қудайға хызмет етиўи ушын, Елиге жәрдем бериўине алып келди. Самуил жақсы жәрдемши болды. Ҳәр жылы Анна өзиниң баласын көриўге келип турды ҳәм оған таза кийимлер алып келетуғын еди. Ол Қудайға усындай әжайып ул бергени ушын рахмет айтып шаршамады. Анна болажақ баласы ушын тымбастан дуўа еткени ушын қуўанышлы болды. Қудай Анна ушын қуўанышлы болды, себеби Қудайдың оның дуўаларына әлбетте жуўап беретуғынына исенди. Қудай кишкене Самуил ҳаққында қайырхомлық етти. Бала үлкейди ҳәм Анна ўәде еткениндей бала өзиниң барлық өмирин Қудайдың хызметине арнады. Еске түсирейик Анна не ҳаққында қайғырды? Ол дуўа етиў ушын қаяққа барды? Анна дурыс шешим қабыл етти ме ямаса надурыс па? Қудай Аннаның дуўаларына қандай етип жуўап берди? Самуил Қудайға қалай етип хызмет етти? Өз таңлаўың үстинде ойлан Өз дуўаларыңда сен Қудайдан не ҳаққында сорайсаң? Ол ҳəмме ўақыт дуўаларыңа жуўап берип, сен сораған нəрселериңди саған бере ме? Бир ўақытлары Қудай сениң сораған нəрселериңе жуўап бермеўи де мүмкин, ямаса сениң күтиўиңди қəлейди. Дуўаларыңа Қудайдың жуўабы усындай болыўы да мүмкин, усыны ядыңда сақла. Дурыс таңлаўды үйрен Ағайин ҳəм досларың арасынан бир ҳəпте даўамында олар ушын дуўа ететуғын бир неше адамларды таңлап ал. Олар неге мүтəж болса, Қудай соны берсин деп дуўа ет. Қудай ўақтында керекли жуўапты беретуғынына исен! Дуўа етиў — ҳәмме ўақыт туўры ҳәм дурыс! Дуўа етейик Жаратқан Ийем, Саған бизлер қəлеўлеримизди ҳəм сезимлеримизди айтыўымызға мүмкиншилик берип қойғаныңа Саған миннетдармыз. Сени ҳəмме ўақыт бизлерди тыңлайтуғыныңа ҳəм бизлер ҳаққында қайырхомлық ететуғыныңа миннетдармыз. Дуўаларымызға қашан ҳəм қалай жуўап беретуғыныңды билетуғының ушын Саған миннетдармыз. Ийсаның аты менен Аўмийин. Дәў әскер Биринши патшалық 17 ДАЎЫТ БАТЫР АДАМ БОЛДЫ МА? ЯМАСА ОЛ ГАЛИАТТАН ҚОРҚТЫ МА? — Даўыт! Даўыт! – деп алыстан шақырған бир даўыс еситилди. Жайлаўда бағып жүрген қойларының арасында отырған Даўыт, шақырған даўысты еситпей қалды. Жас шопан гуслиде саз шертип, Қудайдың тынышлығын жырлады. Даўыт падасына билдирмей келип қалған арысланды қалай қуўып жибергенин еследи. Ол өзиниң үлкен емес сапқанынан бир неше тасларды зыңғытып жиберди ҳәм арыслан қаша жөнелди. Даўыс қатты шықты: — Даўыт, үйиңе бар! Гуслиниң даўысы тынышланды ҳәм Даўыт әкеси күтип отырған үйине қарай жуўырды. — Мен сениң үлкен ағаларыңа барып қайтыўыңды қәлер едим, — деди әкеси Даўытқа. Әкеси даўам етип: — Олар үлкен әскерлер қатарында ҳәмме менен бирге урыс жүргизип атыр, олардың жағдайларының жақсыма екенлигин билгим келип еди. Және де, оларға нан, сүзбе ҳәм басқада нәрселер алып барсаң деп едим, — деди. Мине, Даўыт қоржыны ҳәм гусли менен үлкен ағаларын излеўге жолға шықты. Ол әкесиниң тапсырмаларын орынлаўы керек еди. Даўыт ағаларын басқа әскерлер арасынан излеп жүрген ўақтында, әскерлердиң жаўынгерлик руўхының түсип кеткенин сезди. Оның ағалары жаўынгер болып көринген менен де, оларда бир нәрседен қәўетерде екенлиги сезилди. Душпан әскерлериниң арасында бир жаўынгер бар, ҳеш кимде оның менен гүреске шығыўға батына алмайды — дести олар Даўытқа. Бул жаўынгердиң аты Голиат, ол нәҳән, нағыз дәў! Голиаттың бойы дым узын. Қоллары нәҳән, ийинлери кең. Оның үстине бойы узын! Солай етип, Даўыт әҳмийетли таңлаў жасаўы керек еди. Егер ол Голиат пенен гүреске түссе, Қудай оның менен бирге екенлигине исениўине оған болар еди. Ямаса ол үйине қайтыўына да болар еди. Гәптиң шынын айтсақ Голиаттың түри қорқынышлы еди. Мине, Даўыт не иследи. Ол дәслеп әскерлерге Голиат пенен гүресемен деди, соң патшаға қарап: — Арысланнан қутқарған Қудай, мени дәўден де қутқарады — деди. Саул патша гүманланды: — Сен гүресиў ушын дым жассаң. Бирақ патшаға Даўыттың қандай батыр екенлигин айтқанда, ол Даўытқа тилек билдирип былай деди: — Бар, Қудай саған яр болғай! Патша Саулға мыс дуўлыға кийиўди усынды, бирақ ол алмады. Даўыт қылыш та алмады, себеби оларды Даўыт қолланып билмеди. Жас жаўынгер патшаға: — Мен өзимниң кийимимде қаламан ҳәм сапқанымды аламан. Даўыт қолына бес сыйпақ тасты алды ҳәм Голиатқа қарсы жүрди. Голиат өзиниң қарсыласын көргенде, шопанның үстинен сондай күлди, ҳәтте, оның сапқанына қолын салғанында көрмей қалды. Жас бала сапқанын басынан айландырып атырғанына дәў итибар бермеди. Голиат сақпаннан атылған тас маңлайына келип тиймегенше не болып атырғанын улыўма түсинбеди, усыннан кейин ол жығылып қалды. Жарақатланған Голиатты Даўыттың ағалары ҳәм әскерлери көргенде, оларға бурынғы дәў жүреклиги қайтып келди. Егер кишкене Даўыт дәўдей болған Голиатты жеңсе, олар қәлеген душпанлар менен гүресе алады. Сол күни Саулдың әскерлери жеңиске еристи. Даўытқа ура! Қудайға Даўыттың ер жүреклиги унады. Қудай Даўыттың жәрдем беретуғынына үмит еткенине қатты қуўанды. Еске түсирейик Əскерлер неден қорқты? Не ушын Даўыт Голиатты жеңемен деп ойлады? Даўыт дурыс таңлаў жасады ма ямаса надурыс па? Өз таңлаўың үстинде ойлан Поездың вагонында, үйдиң шарбағында, мектепте ушырасатуғын тəртипсиз адамларға үй ағзаларың қалай жуўап береди? Қудайдың Даўытқа болған ерки бойынша, ол өз сапқаны менен пайдаланыўды қəледи, бирақ бизлерге Қудай улыўма басқа нəрсени қарастырып қойыўы мүмкин. Мүмкин, ол тəртипсиз адамға улыўма итибар бермеўиң керек, ямаса оған үлкен адамның дыққатын аўдарыўың керек, ямаса ол адам ушын дуўа етиўиң керек. Дурыс таңлаўды үйрен Китапханаға барып ҳайўанлар қалай етип өз душпанларынан қорғанатуғыны ҳаққында жазылған китапларды изле (мысалы суўын, дикобраз, скунс). Қудай оларды сондай етип жаратқан, олар өзлерин өзлери қорғай алады. Əлбетте, Ол бизлерге де ғамхорлық жасайды! Бизлер батыр бола аламыз ҳәм бизлерди Қудай қорғайды деп исениўимизге болады Дуўа етейик Жаратқан Ийем бизлерге батыр болыўымызға ҳəм Саған арқа сүйеўимизге жəрдем бергейсен. Сен бизлерди қалай саў-саламат болыўымызды үйрететуғыныңды биз билемиз. Ийсаның атынан Аўмийин. Мәңгилик дослар Биринши Патшалық 18:1–4; 20 ИОНАТАН ДАЎЫТТЫҢ НАҒЫЗ ДОСТЫ БОЛДЫ МА? ЯМАСА ОЛ ДАЎЫТҚА КӨМЕКЛЕСПЕДИ МЕ? Ионатан ҳәм Даўыт ҳәр түрли адамлар. Даўыт шопан болды, Ионатан — патшаның баласы болды. Шопан жарлы, ал патшаның баласы бай еди. Биреўи сапқан пайдаланса, ал басқасы болса оқ жайды жақсы ататуғын еди. Бирақ қалай болмасын олар жүдә жақсы дос болып алды. Бир күни Саул патша Даўытқа қатты ашыўланды ҳәм жас бала патшаның ғәзебинен қашып кетиўине мәжбүр болды. Ионатан ҳәм Даўыт бундай мийримсизликтиң себебин түсинбеди. Өйткени Даўыт ҳеш қандай жаманлық ислемеди. Ионатан өз досты ушын жаны ашыды ҳәм әкесиниң оған жаманлық ислеўин қәлемеди. Солай етип, Ионатан әҳмийетли таңлаў жасаўы керек еди. Ол әкесиниң оған не ушын ашыўланғанын билиўине ҳәм қалай етип достысын қутқарыўға болады деп, ойлаўына болар еди. Ямаса ол әкесине Даўыттың қайда жасырынып атырғанын айтып, шопан менен болған дослығын мәңгиге умытыўына болар еди. Мине Ионатан не иследи. Ол Даўытты қутқарып алыў ушын жобасын дүзди. Мен әкем менен сөйлесип атырғанымда, сен атыздағы үлкен тастың артына жасырын — деди ол достысына. Мен олар менен сөйлесип болғаннан кейин оқ жайдан үш оқ атаман ҳәм хызметши баланы оларды жыйнаўға жиберемен. Егер мен оған усы оқ жайларды әкелип бер десем, демек саған қәўип жоқ, мениң әкем саған ҳеш жаманлық ислемейди. Бирақ, егер хызметшиме жыйналған оқ жайларды қалаға алып кет деп буйрық берсем, онда саған қәўиптиң болғаны ҳәм саған қашып қутылыўыңа туўра келеди. Ионатан әкеси менен сөйлескеннен кейин, Даўыттың патшаның көзине көринбегени жақсы екенлигин түсинди. Соның ушын ол атызға шығып, изли изинен үш оқ жайды атты. Ол өзиниң хызметшисине: — Тезирек жуўыр! Тоқтама! Бала оқ жайларды жыйнады ҳәм қалаға келди. Ал Даўыт жасырынып турған тастың арасынан Ионатан менен хошласыўға шықты. Екеўиниңде жүреги қайғыға толды. Бирақ олар не болып өтсе де, ҳәмме ўақыт дос болып қаламыз деп бирбирине ўәде берди. Олар берген ўәделерин сақлады! Қудай Ионатан менен Даўыттың жақсы дос болып шыққанына кеўли толды. Ашыўға минген патша жас баланы қуўып жүрген ўақытлары, Қудай Даўытқа ғамхорлық жасады. Еске түсирейик Даўыттың досты ким болды? Патша Саул Даўытқа қандай қатнаста болды? Ионатан өзиниң достысын қутқарыў ушын не ойлап тапты? Ионатан дурыс таңлаў жасады ма ямаса надурыс па? Өз таңлаўың үстинде ойлан Өзиңниң барлық досларыңның атларын ата. Сизлер биргеликте не ислегенди жақсы көресизлер? Сизлер бир-бириңизге уқсайсызлар ма яки яқ па? Сизлер қалай бир-бириңизге көмеклесесизлер? Дурыс таңлаўды үйрен Қағазға адамның сүўретин сал, нағыз доста не бар деген жазыўы бар белгин оған желимле. Мысалы белгиге: қол көмеклесиў ушын; сүйиўши жүрек; ерин — жақсы сөзлерди айтыў ушын ҳ.т.б. Қудай бизлерге дос береди, себеби бизлер оларға жақсылық ислеў ушын. Дуўа етейик Жаратқан Ийем, бизлердиң барлық досларымызды сақлайгөр ҳəм оларға қалай етип жақсылық етиўимизди ҳəм оларға пайда алып келиўимизди үйретегөр. Ийса атынан Аўмийин. Ҳәтте патшаларда қәте ислейди Екинши патшалық 11–12:10; Забур жырлары 51 ДАЎЫТ ПАТША НАДУРЫС ИСЛЕГЕНИНЕ ӨКИНДИ МЕ? ЯМАСА ОЛ ҲЕШ ҚАНДАЙ ЖАМАН НӘРСЕ ИСЛЕМЕДИМ ДЕП ЕСАПЛАДЫ МА? Даўыт Саул патшадан көп жыллар бойы жасырынып жүрди. Бирақ Саул өлди. Сонда Даўыт патша болды! Ол жақсы ҳәм мийримли патша болыўға ҳәм әдил басқарыўға урынды. Ол жийи-жийи Қудай менен сөйлесип турды, ҳәм ҳалық ушын қолынан келген барлық нәрселерди иследи. Халық өзиниң патшасын жақсы көрди. Бирақ бир күни Даўыт бир нәрсе иследи, оны дурыс деп есаплаўға болмайды. Ол өзиниң әскерлериниң биреўиниң ҳаялы жүдә сулыў екенлигин сезди. Даўыт сол ҳаялды өзине қатты алғысы келди, оның күйеўин өлтирди ҳәм соң оған үйленди. Қудай Даўытқа қапа болды. Бирақ бәрибир Ол Даўытты жақсы көрди. Соның ушын, ислеген ислерине патшаның көзин ашыў ушын, Нафан деген адамды жиберди. Нафан Даўытқа бир тарийхты гүрриң етиў ушын келди. Қудайдың мақсети бойынша бул тарийх Даўытқа қандай жаманлық ислегенин түсиниўине жәрдем етиўи керек еди. — Бир жарлы адамда, — деп сөзин баслады Нафан, — жалғыз ғана қойы болыпты. Ал бай адамда болса көплеген қойлары ҳәм қошқарлары болыпты. Бирақ бай адам жарлының жалғыз байлығын алып қойыпты. Буны еситкен Даўыт ашыўланды ҳәм дәрҳәл сол адамды жазалағысы келди. — Ол адам жарлының сол қойы ушын төлеўи керек! — деп бақырды патша. Сонда Нафан былай деди: — Бул адам — сенсең Даўыт. Саған Қудай көп нәрсе берди бирақ, сен басқа адамның ҳаялын тартып алдың ҳәм оған үйлендиң. Солай етип, Даўыт әҳмийетли таңлаў жасаў керек еди. Ол жүдә жаман нәрсе ислеп қойғанын мойынлаўы ҳәм усылар ҳаққында өкиниўи мүмкин еди. Ямаса ол мен ҳеш қандай жаманлық ислемедим деп қарсы шығыўы да мүмкин еди. Мине, Даўыт не иследи. Ҳәммесинен бурын ол ашыўланғанды қойды. Өзиниң ислеген жаман исине уялып қалды. Ол Қудайға қарсы гүна ислегенин енди түсинди. Соның ушын, патша дуўа етип баслады. Ол өзиниң қәтесине өкинди ҳәм Қудайдан кеширим сорап, жалбарынды. Қудай оны кеширди. Патшаның ақмақлық ислегенине Қудай қатты қапа болды. Бирақ Ол Даўыт Нафанның сөзине қулақ салғаны ушын миннетдар болды. Даўыт өз гүнасына өкинди ҳәм усыннан кейин ғана ол және мийримли патша бола алды. Еске түсирейик Даўыттың қандай ҳəрекети Қудайды қапа қылды? Қудай Нафанға не ислеўди буйырды? Нафан тəрепинен айтылған тарийх Даўытқа қалай жəрдем берди? Даўыт дурыс таңлаў жасады ма ямаса надурыс па? Өз таңлаўың үстинде ойлан Айырым ўақытлары өзиңниң жарамсыз ис ҳəрекетлериңди жасырыўға болатуғындай көринеди. Бирақ, Қудайдан бир нəрсе жасырып болар ма еди? Қанша тезирек Қудайдың алдында жаман ислегениңди мойынласаң, Ол сени сонша тез кеширеди. Дурыс таңлаў жасаўды үйрен Бояў ал ҳəм жаман ис ислегендеги сезимлериңди сүўретлеп беретуғын бояўлар менен қағазларды боя (жəне Қудайдың сезимлерин де). Басқа қағазға болса Қудайдың алдына келип, кемшилигиңди айтқаннан кейин пайда болатуғын кеўил хошыңды сүўретлеп беретуғын реңлер менен боя. Егер бизлер ақмақ ислеримизге өкинип кеширим сорасақ, Қудай бизлерди кеширеди. Дуўа етейик Жаратқан Ийем, айырым ўақытлары патшадан баслап балаға шекем надурыс ислеп қояды. Бүгин Сен мени _____________ ислерим ушын кеширегөр. Миннетдарман Саған! Ийсаның атынан Аўмийин. Ҳәмме сыйданда жақсы Үшинши патшалық китабы 3 СУЛАЙМАН ҚУДАЙДАН ДАНАЛЫҚ СОРАДЫ МА? ЯМАСА ОННАНДА БАҲАЛЫ БАЙЛЫҚ СОРАДЫ МА? Даўытта Сулайман деген улы болды. Сулайман патша болып сайланған ўақыт та келди. Жаңа патша Қудайды жақсы көрди. Бир күни түнде Қудай түсине енип, былай деди: «Меннен қәлеген нәрсеңди сора ҳәм Мен соны беремен». Мүмкин, дәслеп Сулайман бай болсаң қандай жақсы деп ойлаған шығар. Онда әрман еткен ҳәмме нәрсеси болады. Қандай жақсы ақшаң көп болса. Мүмкин, Сулайман кейнинен ақыллы болған жақсы деп ойланған шығар. Тек ғана ақыллы емес, ал көп нәрселерди билетуғын адам болса, бундай даналыққа ийе болған адам дурыс таңлаў жасаў керек. Усындай сыйға ийе болған адам басқа адамларға жәрдем бере алады ҳәм Қудайдың кеўлинен шыға алады. Солай етип, Сулайман әҳмийетли таңлаў жасаў керек еди. Ол Қудайға ҳәм адамларға хызмет етиўи ушын Қудайдан даналық сораўы мүмкин еди. Ямаса ол байлықты таңлаўы мүмкин еди, себеби нени әрман еткен болса ҳәммесине ерискен болар еди. Сулайман не иследи? Ол Қудайға былай деди: — Сен мени көп халықлар үстинен патша етип қойдың. Бирақ, мен оған қалай жәрдем етиўди билмеймен. Тек Сен ғана буны маған ашып бере аласаң. Қудайға Сулайманның байлықты емес, ал даналықты таңлағаны унады. Ол патшаға: «Мен саған даналық сыйлайман». Ал оннан кейин: «Оннан басқа саған байлық беремен». Сулайман қандай жақсы таңлаў иследи! Дана шешим қабыл етип, ол адамларға не ислеў керек ҳәм Қудайдың қалай кеўлинен шығыў керек екенлигин үйретти. Патша тәрепинен қабыл етилген ҳәмме қарарлар ҳақыйқат болды. Ўақыттың өтиўи менен Сулайман жүдә бай адам болды. Ол халық ушын әжайып ибадатхана салды, ол жерде Қудайға сыйынар еди, ал өзи ушын әжайып сарай салды. Қудай Сулайманның даналық сорағанына кеўли толды. Ол патшаның тилегин берди, ҳәтте сорағанынанда көп берди! Еске түсирейик Қудай Сулайманға нени усынды? Сулайман Қудайдан не сорады? Патша дурыс таңлаў жасады ма ямаса надурыс па? Қудай Сулайманға не берди? Өз таңлаўың үстинде ойлан Қудай саған қандай сый берди? Мүмкин, сен тез жуўыратуғын шығарсаң? Мүмкин, сен жақсы қосық айтатуғын шығарсаң, жақсы сүўрет саларсаң ямаса басқа барлық таза затларды өзлестирип аларсаң? Сен басқа адамларға жəрдем бериўиң ушын қалай усы сыйларды пайдаланасаң? Дурыс таңлаўды үйрен Егер сен усы ҳəптеде қандай да бир машқалаға жолықсаң, дана шешим қабыл етиўиң ушын Қудайдан даналық сора. Ҳəптениң аяғында ата-анаңа Қудайдың жəрдеми менен қандай шешим қабыл еткениңди айтып бер. Қудай дана ҳәм Oл бизлерге дана болыўымызға жәрдем береди. Дуўа етейик Жаратқан Ийем, бизлерге Сулайман патшадай ақыллы ҳəм ғамхор болыўымызға жəрдем берегөр. Ийсаның атынан Аўмийин. Бир қосыўыс ун Үшинши патшалық 17:7–16 ҲАЯЛ ИЛИЯС ПЕНЕН НАНЫН БӨЛИСТИ МЕ? ЯМАСА ОЛ НАНЫН ӨЗИНДЕ ҚАЛДЫРДЫ МА? Күн Илиястың басын аямастан күйдирди, ол аш ҳәм шөлден қыйналды. Жерге жаўын көп ўақыттан берли жаўмады. Жаўын болмай суўдың дереклериде қурып қалды. Жаўын болмағаннан соң бийдай да өспеди. Жаўынсызлықтан зейтун ағашлары да көгермеди, демек май да болмады. Қудай Илиясқа алыстағы бир қалада бир ҳаялдың үйи бар, соған бар ол сени аўқатландыра алады деди. Мине, Илияс сол қалаға жол алды ол өз жолында қурғақ ағашларды терип жүрген бир ҳаялды ушыратты. Ол ҳаялдан сорап: — Сен маған азғана нан ҳәм суў әкелип бере аласаң ба? — деди. Бирақ ҳаял жуўап берип: — Мениң үйимде бир қосыўыс уным ҳәм аз ғана майым қалды. Бул тек ғана балама ҳәм өзиме бир рет нан писириўиме жетеди. Илияс оны тынышландырды: — Қорқпа маған нан жаўып бер. Қудай маған ашып берди, сениң наның ҳәм майың жаўын жаўмағанша таўсылмайды. Солай етип, ҳаял әжайып таңлаў жасаў керек болды. Ол Илияс ушын нан писириўи мүмкин еди. Ол баласын ҳәм өзин Қудай нансыз қалдырмайды деп исениўине болар еди. Ямаса Илиясты қуўып жибериўине ҳәм ең соңғы бир шымшым унынан баласына ҳәм өзине нан писириўине болар еди. Мине, бул ҳаял не иследи. Ҳаял нан писирип, оны Илиясқа берди. Ол барлығын жеди, енди өзине ҳәм баласына және нан писирсе болады деди. Оның ўәде еткениндей ун ҳәм май өзине ҳәм баласына жетти. Ҳәр күни ҳаял үш адамға нан жапты. Бирақ, май менен ун онда азаймады. Жаўын жаўмағанша Қудай олардың мүтәжлигиниң орнын толтыра берди. Кейнинен бийдай масақ берди, зәйтун писти ҳәм ашлық тамам болды. Қудай ҳаялдың Илияс пенен нанын бөлискенине ҳәм Қудайдың оған, баласына ҳәм Илиясқа қайырхомлық ететуғынына исенгенине кеўли толды. Еске түсирейик Не ушын Илияс аш болды? Қудай оған не буйырды? Нанын оның менен бөлисиўге гүманланған ҳаялға, Илияс не айтты? Ҳаял дурыс таңлаў жасады ма ямаса надурыс па? Қудай Илиясқа, ҳаялға ҳəм оның баласына қалай ғамхорлық етти? Өз таңлаўың үстинде ойлан Сениң үйиңде қандай да бир нəрсе таўсылып қалып (ун, май, бензин, ақша ҳ.т.б.) ҳəм усы мүтəжликлердиң орнын Қудай толтырған ўақытлар болды ма? Дурыс таңлаўды үйрен Мүтаж адамлар менен не бөлисиўиңе болатуғынын бил ҳəм оларды өзиңниң жəмəəтиңде ямаса басқа шөлкемлерде таўып тап. Ямаса сениң менен өз нəрселери менен бөлискен адамға миннетдаршылығыңды билдир. Өзлеримизде бар нәрселеримиз бенен басқалар менен бөлиссек, онда бизлер Қудайдың кеўлинен шығамыз. Дуўа етейик Жаратқан Ийем, Сен бизлерге берип қойған нəрселериң менен басқалар менен бөлисиўимизге жəрдем бер. Саған миннетдармыз, Сен ҳəмме ўақыт бизлерге керек нəрселеримизди жибересең. Ийсаның атынан Аўмийин. Бир күнде жети шомылыў Төртинши патшалық китабы 5 КИШКЕНЕ ҚЫЗ НЕЕМАНҒА ЖӘРДЕМЛЕСТИ МЕ? ЯМАСА ОЛ ОНЫ КИМ ЕМЛЕЙ АЛАТУҒЫНЫН АЙТПАДЫ МА? Нееман уллы әскер басы болды. Ҳәмме оның батырлығы ҳәм жақсы қәсийети ушын жақсы көрди. Бирақ, бул батыр әскердиң еми жоқ аўырыўы болды. Нееманның барлық денесин қотыр ҳәм ириңли жара басты, жаралар оған қатты зақым келтирди ҳәм оның денесин ғәрип етти. Нееман оған қандай да бир адамның жәрдем бериўин қатты қәледи. Нееманның үйинде оның ҳаялына хызмет ететуғын бир кишкентай қыз жасады. Ол Қудайдың халқы жасайтуғын елде туўылды. Кишкене қыз Қудайды жақсы көрди ҳәм Қудайды жақсы көретуғын адамларды да билди. Сондай адамлардың бири Елисей пайғамбар еди. Нееман ҳәм оның ҳаялы өзиниң кишкене хызметши қызына мийримли болды. Соның ушын қыз Нееманның аўырыўын еситкенде, қатты қапа болды. Қыз Елисей пайғамбар ҳаққында еслеп қойды ҳәм мүмкин ол хожайынға қалай жәрдем бериўди билер деп ойлады. Бир күни Нееманның ҳаялы кишкене хызметши қызды шақырды. Не ушын шақыртқанын билиў ушын қыз бийкесине келди. Енди қыз әҳмийетли таңлаў жасаўы керек. Қыз Нееманның ҳаялына Елисей Қудайды жақсы көреди ҳәм адамларға көмеклеседи деп айтыўына болар еди. Ямаса қыз пайғамбар ҳаққында аўыз ашпаўына да болар еди. Гәптиң қысқасы ол еле кишкене қыз еди ҳәм оның үстине басқа елдиң адамы. Кишкене бир хызметши қыз хожайыны Нееман болған белгили адамға жәрдем бере алады деп ҳеш ким де ойламады. Мине, кишкене қыз не иследи. Ол Нееманның ҳаялына: — Мен Қудайды жақсы көретуғын бир адамды билемен. Оның аты Елисей. Сизиң күйеўиңиз оның менен ушырасса болады. Елисей емлейди деп мен исенемен. Нееман оны емлейтуғын адамды еситкен ўақтында, сондай бахытлы болды! Ол ҳәм оның жәрдемшилери тез шабатуғын атқа арбаны жекти. Атлар Елисей жасайтуғын жерге қуйындай шаўып кетти. Пайғамбар Нееманға: — Сен Иордан дәрьясына жети рет сүңгиўиң керек. Сонда сениң жараларың кетеди. Бундай кеңес Нееманды қапа қылды. Ол өзиниң денесин көп мәртебе жуўып ҳәм ҳеш қандай нәтийжени көрмеген еди. Бирақ жәрдемшилери әскер басына былай деди: — Егер саған Елисей қыйын нәрсе айтып атырған болса да, оның кеңесин қуўаныш пенен тыңла. Иордан дәрьясына жети мәртебе сүңгиў сен ушын қыйын ба? Мүмкин, бул саған жәрдем берип қалар? Сонда Нееман Иордан дәрьясына түсти, суўға кирди ҳәм биринши мәртебе сүңгиди. Ҳеш нәрсе өзгермеди. Екинши мәртебе сүңгиди. Ҳеш нәрсе өзгермеди. Ол денесин үшинши, төртинши, бесинши ҳәм алтыншы рет жуўды. Жара денеде азаймады. Бирақ ол жетинши рет сүңгип болып қырға шықты. Ол және қолларына қарады. Сонда ол ҳеш қандай жараны денесинде, я аяғында, я ийнинде, я басында көрмеди. Нееман саўалды! Кишкене қыз өзиниң бийкесине Елисей ҳаққында айтып бергенине Қудайдың кеўли толды. Әскербасы да қуўанышлы болды ҳәм Елисейге рахмет айтты. Кишкене қыз оған жақсылық ислегени ушын Нееман да Қудайды жақсы көрип қалды. Еске түсирейик Нееманды емлей алатуғын қайсы адам ҳаққында қыз билер еди? Қыз дурыс таңлаў жасады ма ямаса надурыс па? Елисей Нееманға не деп кеңес берди? Усы қызға байланыслы қандай жақсы ўақыя жүз берди? Өз таңлаўың үстинде ойлан Сен өзиңниң кишкене жасыңа қарамастан адамларға Ийса ҳаққында айта аласаң ба? Сен оларға Қудайдың баласы Ийсаны қатты жақсы көретуғыныңды айта аласаң ба? Сен Мухаддес Жазыў тарийхы жазылған китапшаны оларға көрсете аласаң ба, екшембелик мектепте үйренген қосықларыңды оларға айтып бере аласаң ба, ямаса Мухаддес Жазыўдағы жақсы көретуғын аятларыңды айтып бере аласаң ба? Сен сондай-ақ оларға дуўа ете аласан. Усы ҳəптеде Қудай туўралы айтқың келетуғын адамлардың атларын ата. Дурыс таңлаўды үйрен Жоқарыда дүзилген адамлардың атларының дизимлеринен усы ҳəпте ишинде биреўине Масих туўралы айтып көр. Балалар басқа адамларға Oл ҳаққында билиўге жәрдемлессе Қудайдың кеўли толады. Дуўа етейик Жаратқан Ийем, бизлерге көрсетегөр Сен ҳаққыңда кимге ҳəм қалай айтыўымыз керек, бизлерге жəрдем еткейсең. Ийсаның атынан. Аўмийин. «Солай етип, тыңлаң!» Патшалықтың төртинши китабы 22–23 ИОСИЯ ҚУДАЙДЫҢ НЫЗАМЫН ӨЗ ХАЛҚЫНА ОҚЫП БЕРДИ МЕ? ЯМАСА БУЛ НЫЗАМ ӘҲМИЙЕТЛИ ЕМЕС ДЕП ОЙЛАДЫ МА? Иосия жети жасқа толғанда, ол әпиўайы емес нәрсе менен шуғылланыўға туўра келди. Ол патша болды! Бала жақсы патша болыўға ҳәм қәте ислемеўге тырысты. Ол өзине дурыс болып көринген нәрсени емес, ал Қудайға дурыс деп саналған нәрсени ислеўге тырысты. Тап усындай нызам менен ол өмир бойы иследи. Иосия кишкене ўақтында ибадатханаға ремонт керек екенлигин көрди. Ол жерден ибадатханаға тийисли емес нәрселерди алып таслаўды түсинди. Соның ушын, ол ибадатхананы ремонт етип, оның ишинен керек емес нәрселерди шығарып таслаў ушын жумысшыларды жыйнады. Ремонт барысында, жумысшылар бир неше оралған қағазларды — свитканы тапты! Ол ибадатханада көп жыллар бойы жатты, бирақ оның бар екенлигин ҳеш ким билмеди. Свитка оралған қағазды еслетти, онда Қудайдың сөзи жазылған болып, ол көп жыллар бурын Муўсаға берилген нызам еди. Иосияның бир жәрдемшиси свитканы патша сарайына алып келди ҳәм олардың бир қаншаларын даўыслап оқыды. Иосия жүдә қапа болды. Жыллар өткен сайын адамлар Қудайдың нызамларын бузып атырғаны оған аян болды. Солай етип, Иосия әҳмийетли таңлаў жасаўы керек еди. Ол Қудайдың нызамын қалай етип сақлаў кереклигин билиў ушын, усы свиткаларды ақырына дейин оқыўына болар еди. Усыннан кейин халықтың бәрин жыйнап усы нызамды оқып бериўге ҳәм халықты Қудайдың нызамын сақлаўға үйретиўге болар еди. Ямаса хызметкерине: алып кет Қудайдың нызамын әҳмийетли деп ойламайман, деўине де болар еди. Патша нени таңлады? Халықты ибадатханаға жыйнап, ол бийик колонаның қасында турып, свитканы даўыслап оқып бере баслады. Адамлар Иосияны еситкеннен кейин, Қудайдың нызамын, Оның сүйиспеншилигин ҳәм ўәдесин билди. Сол ибадатхананың ишинде патша ҳәм халық Қудайды сүйемиз ҳәм Оның нызамын орынлаймыз деп ўәде берди. Адамлар Қудайды жақсы көриўди ҳәм Оған бойсыныўды шешкени қандай жақсы болды. Иосияның Қудайдың нызамын таўып алғаны ҳәм оны халықтан жасырмағаны жақсы болды. Еске түсирейик Ибадатханада көп жыллар бойы не жатты? Иосия неге қапа болды? Ол дурыс таңлаў жасады ма ямаса надурыс па? Қудайдың нызамларын еситкеннен кейин адамлар қандай ўəде берди? Өз таңлаўың үстинде ойлан Сен Мухадддес Жазыў ўақыяларын тез-тез еситип ямаса оқып турасаң ба? Қудайдың Сөзин еситип отырып, сен не ислегиң келеди? Дурыс таңлаўды үйрен Усы Мухаддес Жазыў ўақыясындағы айтылған свиткадай етип свитка исле. Дəслеп бир неше қағазларды өз-ара жабыстыр, соң оған Мухаддес Жазбадан жақсы көретуғын бир ямаса бир неше аятларыңды жаз, кейин оны рулоны менен ора. Сондай-ақ, оған жақсы көретуғын Мухаддес Жазыў ўақыяларынан жазыўыңа ҳəм суўретин салыўыңа болады. Соң оны үй ағзаларыңның ортасында оқып бер. Қудайдың Сөзин оқыў, бизлерге Қудайды қалай жақсы көриўимизге ҳәм Oған бағыныўымызға жәрдем етеди. Дуўа етейик Жаратқан Ийем Саған Мухаддес Жазыў ушын миннетдарман, себеби бизлер оны оқый аламыз ҳəм Сениң Сөзиңди тыңлай аламыз. Бизлер Сени жақсы көремиз! Ийсаның атынан Аўмийин. Ким арысланнан қорқады? Даниел китабы 6 ДАНИЕЛ ҚУДАЙҒА СЫЙЫНЫЎДЫ ДАЎАМ ЕТТИ МЕ? ЯМАСА ОҒАН АЛҒЫС АЙТЫЎДЫ ТОҚТАТТЫ МА? Рр-р-р! Арысланның ырылдысы қаланың барлық көшеси бойлап таралды. Аш арысланлар кимди болса да жеўге таяр болды. Даниел ҳәм оның дослары да арысланның ырылдысын еситти. Олар қалада арысланы бар ор барлығын ҳәм ким айып ислесе сол адамды ордың ишине таслайтуғынын да билер еди. Ордың ишине жийи жағдайда патшаға бағынбаған адамлар тасланатуғын еди. Даниел патшаның ең жақсы досты ҳәм жәрдемшиси болды. Оның үстине патша Даниелди басқа дөгеректеги адамларының үстинен қоймақшы еди! Патшаның басқа жәрдемшилери Даниелди жақсы көрмеди. Олар Қудайға исенбеди ҳәм Оған Даниел табынғандай табынбады. Оның үстине патшаның ең жақын досты, ең керекли жәрдемшисине айланыўын қәлемеди. Соның ушын, сарайда Даниелге қарсы тил бириктирди. Патшаның басқа жәрдемшилери патшаға келип, оны жаңа нызам қабыл етиў керек деп исендиригиси келди. Олар өз патшасына: Ел басшымыз, бизлер уллы нызам ойлап таптық. Усы нызам бойынша мәмлекеттеги адамлардың ҳәммеси бир ай даўамында тек саған табынады. Усы ўақыт ишинде қәлеген адам басқа қудайларға ямаса басқа адамға сыйыныў ҳуқықынан айырылады. Егер сизиң буйрығыңызды бузса, онда оны аш арысланы бар орға тасланады. Патша мүмкин бул жақсы нызам шығар деп ойлады. Соның ушын, оны қабыл етиўге келисти ҳәм қол қойды. Даниел патшаның таза нызамы ҳаққында еситти. Бирақ ол бундай нызамды орынлаўға болмайтуғынын билди, себеби тек Қудайға сыйыныў керек. Оның үстине көп жыллар бурын Муўса Қудай Өзи берген нызамды жазды ҳәм бул нызамды орынлаў шәрт еди. Егер адамларды Қудайдың нызамын бузыўға мәжбүр ететуғын нызам болса, бундай нызам — жаман нызам екенлигин Даниел түсинди. Солай етип, Даниел әҳмийетли таңлаў жасаўы керек еди. Ол ҳәмме ўақыт сыйынып жүргендей етип, Қудайға сыйыныўына болар еди. Ондай жағдайда ол бир түн аш арысланы бар ордың ишинде жатыўына туўра келеди. Ҳәтте, оны аш ҳайўанлар не ислейтуғынын ойлаўдың өзи қорқынышлы! Ямаса ол патша буйрығына бойсыныўына болар еди. Онда оған Қудайға дуўа етиўине емес, ал патшаға сыйыныўына туўра келеди ҳәм сонда Қудайға жасырын табыныўына болар ма еди? Даниел не иследи? Даниел дурыс иследи ҳәм ол күнде Қудайға сыйыныўын даўам етти. Ҳәр күни ол бир ямаса еки мәртебе емес ал ҳәтте үш мәртебе Қудайға сыйынды! Сыйынған ўақытта ол жасырынбады. Шыны менен алғанда, ол ашық терезе алдында сыйынды. Оны қәлеген адам көре алар еди! Әлбетте, патшаның басқа жәрдемшилери де Даниелдиң қалай сыйынғанын көрген еди. Олар буны сирәда патшаға жеткерген еди. Патша жүдә қапа болды. Ол өзиниң ең жақын жәрдемшисин арысланның талап таслаўына бергиси келмеди. Бирақ, өзи жазған буйрықты бийкар ете алмады. Солай етип, патшаның жәрдемшилери Даниелди тутып алды ҳәм күн батқаннан кейин оны арысланларға толтырылған орға таслады. Патша түни бойы кирпик қақпады. Даниел ҳәзир не ислеп атыр екен деп, ол ҳәр бир минутты көз алдына келтирди. Зорға таң атты, аяғы аяғына тиймей арысланлар тасланған шуқырға жуўырып барды. Ордың қырына жақынлап: — Даниил, Қудайың сени жыртқыш ҳайўанлардан қутқарды ма? — деп қышқырды патша. Патша шуқырға қарады. Соң көзин уўқалап және ордың ишине қарады. Даниел жарақат алмай, саппасаў болып, жыртқышлардың арасында отырған еди. Даниел: — Қудай арысланлардың маған топылыўына жол қоймады, соның ушын олар маған ҳеш нәрсе ислей алмады. Қудай мениң ҳеш қандай жаманлық ислемегенимди билер еди, — деди. Патша Даниелдиң тири екенлигине қатты қуўанды! Даниелдиң Оның нызамын орынлағанына ҳәм дурыс ислегенине Қудай да қуўанды. Ол тап усылай иследи. Еске түсирейик Патша қандай жаңа нызам шығарды? Не ушын бул нызам жаман болды? Даниел дурыс таңлаў жасады ма ямаса надурыс па? Орда қандай ҳайўанлар бар еди? Даниел ҳаққында Қудай қалай ғамхорлық етти? Өз таңлаўың үстинде ойлан Сен тез-тез Қудайға мүрəжет етесен бе? Күш пенен дуўа еткен ўақытларың болды ма? Сен айырым ўақытлары сыйынбаған ўақытларың болды ма? Сен усыны ескертиўди Қудайдан сорасаң болады. Дурыс таңлаўды үйрен Даниел дуўа етти ҳəм Қудай оны аш арысланлардан қутқарды. Сен дуўа еткениңде Қудай сени қалай қорғайтуғынын ойланып көр (көз алдыңа келтир, сен велосипед айдап баратырып жаўыз ийттен қашып баратырсаң ҳ.т.б) Бизлер сыйынғанда, Қудайдың әжайып бир нызамын орынлаған боламыз. Дуўа етейик Жаратқан Ийемиз, ҳəмме ўақыт Сениң нызамыңды орынлаўымызға ҳəм бул дүньяда ҳəммесинен бетер Сени жақсы көриўимизге жəрдем берегөр. Ийсаның атынан. Аўмийин. Кит ишинде саяхат Юнус пайғамбардың китабы 1–2 ЮНУС ҚУДАЙДЫҢ ЖӘРДЕМШИСИ БОЛҒЫСЫ КЕЛДИ МЕ? ЯМАСА ОЛ ЖӘРДЕМШИ БОЛЫЎДАН БАС ТАРТЫП ҚАШЫЎҒА ҲӘРЕКЕТ ЕТТИ МЕ? Бир күни Қудай Юнусқа: «Менде сен ушын жумыс бар. Сениң Ниневия қаласының турғынларына жәрдем бериўиңди қәлер едим. Олар көп қәтелер ислейди. Олардың Мени жақсы көриўин ҳәм тыңлағанын, соның менен бирге, олар бир-бирине сүйиспеншилик пенен қараўын қәлер едим», — деди. Солай етип, Юнус әжайып таңлаў жасаў керек еди. Ол Ниневияға қарай жол алып, Қудай оған айтқан тапсырмасын орынлаўына болар еди. Мүмкин, усы қаланың турғынлары оны көриўди қәлемейтуғын шығар, бирақ бәрибир ол Қудайдың қәлеўин ислейди. Ямаса Юнус Қудайдың оған берген тапсырмасын орынлағым келмейди, деп қарар етиўине болар еди. Юнус не иследи? Ол жасырыныўды шешти! Ол аяқаяғына тиймей теңизге жуўырды ҳәм Ниневиядан басқа тәрепке қарай баратырған кемеге минди. Кеме улыўма басқа тәрепке қарай бет бурды. Мүмкин, қашқын ашық теңизде Қудай мени таба алмайды деп ойлаған шығар? Бирақ Қудай Юнустың қайда екенлигин билер еди. Қудай күшли самал туўдырды ҳәм теңизде даўыл басланды. Үлкен толқынлар кемениң үстине қулады. Теңизшилер бурын бундай толқынды көрмеген еди. Юнус бул қорқынышлы толқынды Қудай жибергенин түсинди. Және ол не ислеўи кереклигин де анық билди. Юнус теңизшилерге: — Мен Қудайдан жасырынып жүрмен, мына толқынды Қудай жиберди. Егер сизлер мени толқынға таслап жиберсеңлер, даўыл тоқтайды — деди. Теңизшилердиң ҳеш қайсысы буны ислегиси келген жоқ, бирақ олар буны ислеў шәрт екенлигин түсинди. Соның ушын, Юнусты теңизге ылақтырып жиберди. Толқынлар сол сәтте-ақ тынышланды ҳәм теңизшилер аман қалды. Деген менен, Юнус өзи менен не болатуғынын билген жоқ. Ол өз дөгерегинде суўды ҳәм таң қаларлық теңиз жаныўарларын: қызыл реңли балықларды, сары балықларды, орташа көлемдеги ҳәм үлкен ҳәм дым ғана үлкен китти көрди. Кит сондай үлкен болып, ол дөгергегиндеги балықларды ҳәтте, Юнусты да жутып жиберди! Киттиң ишинде отырып, Юнус дуўа етип баслады. Қудай бул тири жанды оны қутқарыў ушын жибергенлигин түсинди. Соның ушын, Қудайға усы кит ушын миннетдаршылық билдирди ҳәм өзиниң ендигиден былай Оған бойсынатуғынына ант берди. Соң не болды? Үлкен кит теңиздиң шетине жүзип барды ҳәм аўзын ашып майда балықларды қусып жиберди. Олар менен бирге Юнус та қурғақлыққа түсти. Ол айтып болмастай бахытлы болды! Қудай Юнусқа және Ниневияға барыўды буйырды. Бул сапар Юнус қандай таңлаў жасаў керек екенлигин билди. Ол Қудайға бойсынды ҳәм Ол айтқан жаққа жол алды. Ниневия турғынлары Юнусты тыңлады ҳәм өзлериниң ислеп атырғанларының натуўры екенлигин түсинди. Олар өзлериниң өмирлерин өзгертиўге қарар етти. Олар бир-бирин жақсы көриўди, ҳәммесинен бурын Қудайды жақсы көриўди шешти. Қудай Юнустың ең ақырында Оны тыңлағанына ҳәм Оған жәрдемши болғанына кеўли толды. Ниневия ҳалқы да Оны жақсы көрип, Оған қулақ салғысы келгенине Қудай қуўанышлы болды. Еске түсирейик Қудай Юнусқа қаяққа барыўды буйырды? Юнус дурыс таңлаў жасады ма ямаса надурыс па? Киттиң ишинен шыққанда, Юнус қандай шешим қабыл етти? Юнусты тыңлап, Ниневия турғынлары не иследи? Өз таңлаўың үстинде ойлан Мүмкин, сенде Қудайды тыңлағың келмеў, айырым ўақытлар болатуғын шығар. Мүмкин, сен айырым ўақытлары дуўа етиўди қəлемейтуғын ямаса жақсы болғың келмейтуғын ўақытлар болатуғын шығар. Мүмкин сен ата-анаңды тыңлағың келмейтуғын шығарсаң. Тыңламаў қандай қайғылы ақыбетке алып келетуғынын айтып бер. Дурыс таңлаўды үйрен Кеште уйқыға жатар алдын басыңды көрпе менен жаў. Мине киттиң ишинде де усындай қараңғы болды. Кроватьты шайқап көр ҳəм сен Юнус сыяқлы жүзип баратырғаныңды көз алдыңа келтир. Кейнинен өзиңнен көрпени алып тасла ҳəм жақты дүньяда қайтадан болған қандай жақсы екенлигине исен. Қудайға қулақ салыўды күнниң нурында болыўымыз бенен ямаса жарық бөлмеде отырыў менен салыстырыўға болады, ол жерде бизлер өзлеримизди бахытлы сеземиз ҳəм толық қəўипсизликте боламыз. Дурыс ислеўден бас тартыўдың орнына, Қудайды тыңлаў жақсырақ. Дуўа етейик Жаратқан Ийем, бизлер ҳеш ўақытта жақсылық етиўден бас тартпаўымызға жəрдем берегөр. Ийсаның атынан. Аўмийин. Қудайдың таң қаларлық мақсети Лука жазған Хош Хабар 1:26–50 ҚУДАЙДЫҢ ҚӘЛЕГЕН НӘРСЕСИН ИСЛЕЎИНЕ МӘРИЯМ КЕЛИСИМ БЕРДИ МЕ? ЯМАСА ОЛ БАС ТАРТТЫ МА? Мәриям кишкене қала болған Насыра қаласында, анасының үйинде жасады. Басқа қызлар сыяқлы ол да қудықтан суў тасыды, аўқат писириўди ҳәм тигиўди үйренди. Ол ҳайўанларды жақсы көрди ҳәм бәрҳәма қусларды нанның қыйқымлары менен аўқатландырды. Кишкене қыз бой жетип, нағыз келискен қыз болды! Қыз Юсуп атлы жигитке атастырылған еди. Оның өзиниң устаханасы болып, ол жерде сулыў мебельлер соқты. Қыздың қандай сулыў үйи болады! Мәриям өзиниң тойы туўралы ойланып, зыяпатты сол күни қандай етип өткеретуғынын ойлап жүрген еди. Бир күни азанда Мәриям полды сыпырып атырғанда, бөлмениң ишинде бирден бир бийтаныс пайда болды. Оның үстинде көзди қамастыратуғын аппақ кийим пайда болды, ол жарқырап турғандай болды. Мәриям ҳеш қашан бундайды көрмеген еди ҳәм қорқып кетти. Шынын алғанда, бул бийтаныс Жабрайыл периштениң өзи еди. Ол Мәриямға Қудай тәрепинен жиберилген еди. Қудайдың елшиси былай деди: — Мәриям қорықпа. Мен сен ушын жақсы хабар алып келдим. Мәриям бул хабар оның болажақ күйеўи Юсуп ямаса олардың тойы ҳаққында шығар деп ойлаған болыўы мүмкин. Периште сөзин даўам етип: — Қудай жерге Қутқарыўшы жибериўди ойлады, Ол Қутқарыўшы ҳәммеге Қудайдың сүйиспеншилиги туўралы айтады. Қудай сени усы өзгеше баланың анасы болыўыңды ҳәм Оның атын Ийса деп қойыўыңды қәлейди. Мәриям қысылып қалды: — Бирақ менде бала болыўы мүмкин емес. Мен еле Юсупке турмысқа шықпадым ғой. Периште оған былай деп жуўап берди: — Бул бала Қудайдың Баласы болады. Ол адамларды гүналарынан қутқарады. Солай етип, Мәриям әҳмийетли таңлаў жасаўы керек еди. Ол Қудайдың иске асырғысы келген иси менен келисиўине болар еди. Оған ҳәтте Юсуп ғамхорлық етпеседе, оған Қудай жәрдем беретуғынына Мәриям исениўине болар еди. Ямаса ол периштеге, Қудайдың ойының иске асыўына қатнасқым келмейди, Қудай Өзиниң Баласы ушын басқа ана таўсын деп айтыўына болар еди. Мәриям не иследи? Ол периштеге былай деди: — Қудай ойлап қойған нәрсесин қуўаныш пенен орынлайман деп жуўап берди. Периште Мәриямнан кеткеннен соң, ол туўысқаны Елизабетаға барды. Ол Мәриям менен не болғанын билди. Қудай Елизабетаға Мәриямда айрықша бала туўылатуғынын айтқан еди. Сонда Мәриям қосық айтты: — Жаным мениң Қудайды алғыслайды. Ол кәрамат ислейди. Ол бул дүньяға Өз Улын жибереди. Оның Баласының анасы болыў ушын, Қудай мени таңлады. Қудай Мәриямға кеўли толды, себеби ол Қудайдың ойының жүзеге асыўында қатнасыўына келисим берди. Мәриям Оның Баласы болған кишкене Ийсаның анасы болады. Еске түсирейик Мəриямның күйеўи ким болды? Мəриямға периште Қудайдың қандай ойы туўралы айтады? Ол дурыс таңлаў жасады ма ямаса надурыс па? Периште кеткеннен кейин Мəриям не иследи? Қудайдың Мəриям ушын таярлап қойған нəрсеге, ол қалай қарады? Өз таңлаўың үстинде ойлан Сен қалай ойлайсаң Қудай сеннен не күтеди? Ол сениң ата-анаңды ҳəм мүғаллимлериңди тыңлаўыңды қəлейди. Ол сениң жаңа нəрселерди үйренгениңди ҳəм мийримли болғаныңды қəлейди. Сен Қудайдың исенимин ақлаўға таярсан ба? Дурыс таңлаўды үйрен Сен бүгин ислегиң келген нəрсеңди қағазға түсир, Қудай усыны қəлейди. Сүўрет салып атырғанда ойлан: сен үлкейгенде, Қудай сени қандай адам болғаныңды қəлейди? Oның бизлер ушын ойлап қойған нәрсесине қарсы болмасақ, Қудай қуўанады. Дуўа етейик Жаратқан Ийем, бизлер Сени тыңлағымыз келеди ҳəм Сениң менен ҳəр күни сөйлескимиз келеди. Бизлерге Сениң қандай ойың бар екенлигин ашып бериўиңди қəлеймиз. Ийсаның атынан Аўмийин. Мәриям ҳәм Ийсаға ғамхорлық етеди Матта жазған Хош Хабар 1:18–25 ЮСУП ӨЗИНЕ МӘРИЯМ ҲӘМ ИЙСАҒА ҒАМХОРЛЫҚ ЕТИЎДИ ӨЗ МОЙНЫНА АЛДЫ МА? ЯМАСА ОЛ ҚУДАЙДЫҢ БУЙРЫҒЫН ОРЫНЛАМАДЫ МА? Насыра қаласында Юсуптиң кишкене устаханасы болды. Ҳәр күни ол пышқысын, шөккишин алып, өзиниң буйыртпа берген адамларына бир нәрселер иследи. Ол айырым ўақытлары отырғыш ҳәм тахта иследи. Мийнет әсбапларын да соққан ўақытлары болған. Юсуптиң жумыслары көп болды, ол өзин жүдә бахытлы адам сезди. Енди тойының алдынан ол жүдә бахытлы болды. Мәриям оған мийримли ҳаял ҳәм жақсы жәрдемши бола алатуғынын Юсуп билди. Қандай жақсы, Мәриям оның үйине киреди! Юсуп болажақ ҳаялы ҳәм үйи ушын қандай стол соғыў кереклигин ойлады. Бир күни Мәриям Юсупке таң қаларлық хабар айтты! Оған периште келгенин, және, ол ҳәмледар екенлигин айтты. Юсуп не ойларын да, не айтарын да билмеди. Үйине қайтып баратырып, мүмкин, Юсуп келешек ҳаққында жобалары үстинен ой жуўыртқан шығар. Ол Мәриямға үйленбекши болып жүр еди. Келешекте туўылатуғын баласы ҳаққында әрман етти. Бирақ, енди… Бир күни түнде Юсуп бир өзи үйинде, енди Мәриям оның ҳаялы бола алмайды деп ойлап жатыр еди. Уйқыға жатар алдын уста үмитлериниң ҳәммеси пуш болды деп сезди. Бирақ, сол күни Юсуп қызық түс көрди. Түсинде оның менен периште сөйлести. Ол Юсупке Қудайдан әҳмийетли хабар алып келди. — Мәриямды ҳаяллыққа алыўдан қорқпа, — деди периште. Мәриям ҳәм балаға ғамхорлық етиўден қорқпа. Мәриям қурсағында көтерип жүрген Бала — бул Қудайдың Улы. Ол туўылғанда, Оның атын Ийса деп қой. Ол адамларды гүналарынан қутқарады — деди периште. Солай етип, күнниң биринши нурларынан оянған Юсуп әҳмийетли таңлаў жасаўы керек еди. Ол Мәриямға үйлениўге ямаса Қудайдың Улы екенлигин биле отырып, кишкене бөбек Ийсаны өсириўине болар еди. Ямаса ол өзи Баланы өсирсин деп, Мәриямды басқа аўылға тыныш ҳалда жибериўине болар еди. Оның үстине өзгеше болған бундай Баланы тәрбиялаўдың өзи қандай жуўапкершиликли жумыс. Юсуп не иследи? Ол тез кийинип, Мәриямның үйине асықты. Мүмкин, ол аяқ-аяғына тиймей жуўырған шығар. Өзиниң қалыңлығына түсинде периштени көргенин ҳәм сол периште оған Мәриям менен Балаға ғамхорлық жаса деп буйырғанларын айтқан шығар. Солай етип, Мәриям ҳәм Юсуп өзлери ойлағаны сыяқлы турмыс қурды. Олар бирге устаханасы бар, кишкене үйде жасайды. Бирге кишкене Ийсаны тәрбиялайтуғын болды. Мәриям ҳәм кишкене бөпеге қайырхомлық етиўди мойнына алған Юсупке Қудай қуўанышлы болды. Баласы Ийсаның Юсуп пенен бирге қәўипсизликте болатуғынын Қудай билди. Еске түсирейик Юсуп не менен шуғылланды? Үйлениўге таярлық көрип атырып ол бахытлы еди ме? Мəриям оған қандай таң қаларлық хабар айтты? Юсупке түсинде периште не айтты? Юсуп дурыс таңлаў жасады ма ямаса надурыс таңлаў ма? Өз таңлаўың үстинде ойлан Сениң шаңарағыңның ҳəр бирине Қудай қандай ўазыйпа жүкледи? Сен ислеп атырған ўазыйпаң саған дым қыйын емес пе? Есиңде болсын Қудай сениң қандай да бир жумысты орынлағаныңды қəлейди, Ол саған буны орынлаўда жəрдемлеседи. Дурыс таңлаўды үйрен Сениң шаңарағыңа соңғы ўақытлары жəрдем берген адамларға коңыраў қыл (атаңа, кемпир апаңа, тəрбияшыңа ямаса мүғаллимиңе) ҳəм оларға көрсеткен ғамхорлығы ушын миннетдаршылық билдир. Қудай ҳәмме ўақытта адамларға Өзи тапсырған ўазыйпаларды орынлаўға жәрдем береди. Дуўа етейик Жаратқан Ийем, бизлер ушын ғамхорлық етиўде Саған жəрдем берип атырған ҳəмме адамлар ушын Саған миннетдармыз. Сондай-ақ, бизлерге жүклеген ўазыйпаларың ушын да Саған миннетдармыз. Ийсаның атынан. Аўмийин. «Қорықпаңлар» Лука жазған Хош Хабар 2:8–20 ШОПАНЛАР ПЕРИШТЕГЕ ИСЕНДИ МЕ? ЯМАСА ОЛАР ОНЫҢ СӨЗИНЕ ҚУЛАҚ САЛМАДЫ МА? Ҳәр күни шопанлар Бейтлеҳем төбешилигинде жайылып жүрген қойлардың жүнлерин қырықты. Бир күни қойларға қарап отырған шопанлар Рим әскерин көрди. Ол қалаға алып баратуғын жолда аттың үстинде шаўып киятыр еди. Шопанлар оның Бейтлеҳем қаласында туўылғанлардың дизимин алыў ушын киятырғанын билди. Қалаға дизимнен өтиўге киятырған изи үзилмеген адамлардың топарларын шопанлар күни бойы көрди. Жүдә кеш түскенде жолда шаршаған жас жубайлар киятыр еди. Ҳаял ешектиң үстинде, ал қасындағы ер адам бир заттан жүдә тәшиўште еди. Кешке қарай қалаға көп адам келгенликтен, қаланың дийўалының ишине сыймады. Шопанлар қалада түнеў ушын сонша адамларға қалада орын бар ма екен деп таң қалды. Бейтлеҳем бойынша соншама адамға орын жоқ еди. Мине, соның ушын да күйеўиниң бетинде уўайымның болыўы усыннан шығар. Геўгим түсип, күн батқанда шопанлар қойларын санап баслады ҳәм дем алыўға қолайласты. Қойлар жайылып жүрген төбешикте тыныш, жүдә тыныш қараңғылық орнады. Кеште аўқатланып болып, олар әсте даўыс пенен ҳаўарайы туўралы сөйлести ҳәм түнде от өшип қалмаў ушын жанып турған отқа кесилген отынларды таслап отырды. Төбешик жанбаўырларында қойлар уйықлады. Соң бир қанша шопанлар да қалғый баслады. Бирден аспанда жарық нур сәўлеси жарқырады! Мүмкин, бул жарықты ҳәммеден бурын жас шопан көрген шығар. Ол басқаларды оятты. Олар аспанға қарағанда, жаңағы нур барған сайын жарқырап бара берди. Ҳәм дөгерек күндизгидей жақты болғанда, периште пайда болды. Бул не болыўы мүмкин? Шопанлар басларын шапанлары менен орады. Мүмкин, биреўлери таслардың арасына жасырынған шығар. Хош Хабар алып келген периште шопанларға қарап былай деди: — Қорықпаңлар. Менде сизлер ушын жақсы хабар бар. Бейтлеҳемде Қутқарыўшы туўылды. Барыңлар, барып Бөбекти көриңлер. Ол — ақ пенен қундақланған болып, ҳайўанларға аўқат салып беретуғын наўаның ишинде жатыр. Бирден аспан периштелерге толды! Олар Қудайды алғыслады ҳәм «Қудайға даңқ болсын!» — деп, қосық айтты. Соң периштелер қалай пайда болған болса, солай бирден жоқ болып кетти. Периштелер де, олардың айтып турған қосығы да, аспаннан түсип жарқырап турған нуры да бирден жоқ болып кетти. Тек төбешикте уйықлап атырған қойлар ғана қалды. Таслардың арасында жасырынып атырған шопанлардың биреўи шығыўға жүреги барды. Олар енди не ислеўи керек еди? Солай етип, шопанлар әҳмийетли таңлаў жасаўы керек еди. Олар периштениң айтқанына исенип, оның кеңеси бойынша ҳәрекет етиўине болар еди. Олар Бейтлеҳем қаласына барып уйықлап атырған Бөбекти таўып алыўына болар еди. Ямаса бул түн басқа түнлерден парық қылмайды — деп өзлерин тутыўына болар еди. Ямаса олар ҳеш қандай периштелерди көрмегендей, қойларын бағыўды даўам етиўине болар еди. Мине, шопанлар не иследи. Олар толғанып, болған ўақыяны айтыса баслады ҳәм булардың Қудайдың Өзиниң жиберген периштелери екенлигин түсинди. Соның ушын, шопанлардың биреўи былай деди: — Келиңлер, Бейтлеҳем қаласына барып, Кишкене Бөбекти таўып алайық. Бизлер Оған Қудайдың айтқаны бойынша нәзер салып көрейик. Олар өзлериниң бир ямаса еки жолдасын қойларды қырқыў ушын таслап, ал өзлери жылдам аяқларын басып Бейтлеҳем қаласына жол алған шығар. Ең жас шопан әлбетте, олар менен бирге кетти. Олар ишинде маллары бар онша үлкен емес малқораны таўып алды. Ол жерде бир киси, ҳаял ҳәм Кишкене Бөпе бар еди. Ҳәммеси анық периштениң айтқанындай болды. Шопанлар дизбеклесип барып, Кишкене Бөпеге жақынлады ҳәм Оған нәзер салды. Сүйкимли Бөпе тыныш уйықлап атыр еди. Шопанлар Бейтлеҳемнен дәрҳәл үйлерине қайта алмады, себеби қатты албыраўда еди. Жол бойы олар ушырасқан адамларын тоқтатып, периште ҳаққында ҳәм Қутқарыўшы Ийсаның туўылғанлығы ҳаққында әжайып хабарды айтып барды. Қудай шопанлардың периштеге исенгенине кеўли толды ҳәм шопанлар Қудайдың Улы болған Ийсаны биринши көргенлерден болды. Еске түсирейик Түнниң ортасында шопанлар нени көрди? Периште оларға не туўралы айтып берди? Шопанлар дурыс таңлаў жасады ма ямаса надурыс па? Шопанлар наўаның ишинде жатырған Кимди таўып алды? Өз таңлаўың үстинде ойлан Мухаддес Жазыўда Қудай: Ийса ҳəмме ўақыт сизлер менен бирге, — деп айтады! Сен усыған исенесең бе? Тап ҳəзир Оған Сени жақсы көремен деп айта аласаң ба? Дурыс таңлаўды үйрен Шомылыў ушын арналған халатыңды ҳəм аяқ кийимиңди кий — сен шопанға азғантай уқсайтуғын боласаң. Пахта түйиршиклеринен қойдың фигураларын жаса. Фонаригиңди жақ ҳəм периштелерден қандай нур шыққанлығын көз алдыңа келтир. Шопанлардың бири болып, оның қуўанышын жеткерип бериўди ҳəрекет етип көр. Шопанлар периштеге исенди, тап сол сыяқлы бизлер де Мухаддес Жазыўда Ийса ҳаққында айтылған ҳәмме нәрселерге исениўимизге болады. Дуўа етейик Жаратқан Ийем, Саған миннетдармыз, себеби бул дүньяға Ийсаны шопанларға жибергениң сыяқлы, бизлерге де жибердиң! Сен ҳəмме ўақыт бизлер менен бирге екенлигиңе ҳəм бизлер Сен менен қəлеген ўақытта сөйлесе алатуғынымызға исениўимизге жəрдем бергейсен. Ийсаның атынан. Аўмийин. Жаңа жулдыз Матта жазған Хош Хабар 2:1–11 ЖУЛДЫЗ ИЗЕРТЛЕЎШИЛЕРИ ОЛАРДЫ ҚУДАЙДЫҢ ӨЗИ АЛЫП БАРАТУҒЫНЫНА ИСЕНДИ МЕ? ЯМАСА ОЛАР ҮЙЛЕРИНДЕ ҚАЛДЫ МА? Ийса Бейтлеҳем қаласында туўылды. Усы кишкене қалада Кишкене Бөпениң туўылыўын ҳәмме билген жоқ. Бирақ узақ шығыста жасайтуғын жулдыз изертлеўшилери — данышпанлары қандай да өзгеше бир нәрсе жүз бергенин көрди. Ҳәр күни жулдыз изертлеўшилери аспан жулдызларын бақлады. Мине, бир күни олар әжайып сулыў жулдызды көрди, ол басқаларына қарағанда жүдә жақты шығарып турды. Усыған қарап олар қандай да бир жерде жаңа патша туўылғанын билди. Ол барлық адамлардың, ҳәтте узақ шығыста жасайтуғын усы данышпанлардың да патшасы болады. Жулдыз таза еди ҳәм ол аспанның батыс тәрепинде жарқырап турды. Бул жудыз изертлеўшилердиң билгениниң болғаны еди. Олар патшаның атын да, оны қаяқтан излеўди де билмейтуғын еди. Солай етип, жулдыз изертлеўшилер әҳмийели таңлаў ислеўи керек еди. Олар әжайып жулдыздың изинен жүриўине ҳәм жаңа патшаға жолды табыўда тек ғана Қудай көрсетеди деп Оған исениўине болар еди. Ямаса жулдыз изертлеўшилери ҳеш жаққа бармай, бурынғысынша аспан жулдызларын изертлеўине болар еди. Олар усы жаңа жулдыз ҳаққында китап жазып, бирақ бул жаңа туўылған патша ким екенлигин билмеўи мүмкин еди. Кейнинде мына нәрсе жүз берди. Жулдыз изертлеўшилери узақ сапарға таярланды. Олар жолға керек болған нәрселердиң ҳәммесин алып жүрди. Азық-аўқат, кийимкеншеклерди ҳәм сыйларды жаңа туўылған патша ушын алып жүрди. Батыста жанып турған жулдызды көрип, олар алға қарай умтылды. Жулдыз изертлеўшилерине жаңа патшаны табыў ушын көп ўақытын сарыплады. Күндиз олар уйықлады, ал түнде жулдыз изинен барыўды даўам етти. Жулдыз аспанда араласып кеткендей болып көринди ҳәм оларды изинен ертип жүрди. Олар Ерусалимге кирип келгенде, патша усындай үлкен қалада туўылыў керек деп ойлады. Соның ушын, олар былай деп сорады: — Жаңа патша қай жерде туўылды? Бизлерди усы жерге оның жуздызы алып келди. Патша Ирод жаңа туўылған патша ҳаққында ҳеш нәрсе билмеди, соның ушын ең ақыллы адамларды шақырды. Олар свиткаларға узақ ўақыт үңилип отырды ҳәм ең соңында былай деди: — Ол Бейтлеҳемде. Ирод патша шығыс данышпанларынан жулдыз қашан пайда болды деп сорады ҳәм усыннан кейин оларға Кишкене Бөпени Бейтлеҳемнен излеў керек деп кеңес берди. Жулдыз изертлеўшилери Ерусалимнен шықты. Олардың алдында жулдыз және жарқырап турды. Жулдыз енди оларды Бейтлеҳем қаласына алып барды. Кишкене малқорада олар Ийсаны, анасы Мәриям менен бирге таўып алды. Кишкене Бөпени көрип, жулдыз изертлеўшилери Оған тәжим етти. Кейнинен олар Бөпе ушын алып келген сыйларын — жарқырап турған алтынларды, майларды ҳәм хош ийисли нәрселерин көрсетти. Данышпанлар Мәриямға таң қаларлық жулдызлар ҳаққында ҳәм туўылған патшаны табыў ушын басып өткен узақ жоллар ҳаққында айтып берди. Жулдыз изертлеўшилери Ийсаны көргиси келгенлиги ушын Қудайдың оларға кеўли толды. Қудай жулдыз изертлеўшилериниң аспанға шығарып қойған жулдызының изинен ергенине қуўанышлы болды. Олардың патшасы Ийса болады! Еске түсирейик Жулдыз изертлеўшилери аспанда не көрди? Олар қандай таңлаў жасады? Жулдыз изертлеўшилерин жулдыз қаяққа алып барды? Олар Ийсаны таўып алғаннан кейин не иследи? Өз таңлаўың үстинде ойлан Бизлерде изинен жүриўимиз ушын жол көрсететуғын жулдыз жоқ, бирақ бизлер ҳəмме ўақыт Қудайдан дурыс жол көрсет деп сораўымыз керек. Қудай сени қаяққа алып бармасын, сен Оның изинен ере аласаң ба? Дурыс таңлаўды үйрен Өз туўысқанларыңның биреўи менен айлы түнде жулдызларды бақла. Жулдыз сондай көп дурыс емес пе? Жулдыз изертлеўшилери қалай жаңа жулдызды байқады? Оларға Қудай жəрдем бергени көринеди. Бизлерди Қудай қаяққа жибермесин, Қудайдың изинен жүриўимиз ушын шешим қабыл ете аламыз. Дуўа етейик Жаратқан Ийем, Саған миннетдармыз, себеби Сен жулдыз изертлеўшилерине Ийсаға алып баратуғын жулдызды жибердиң. Сениң изиңнен ерип жүриўимизге бизлерге жəрдем берегөр. Ҳəммесинен бурын бизлер сол жулдыз изертлеўшилери сыяқлы Сениң Улыңа сыйынғымыз келеди. Ийсаның атынан. Аўмийин. «Аўларыңызды таслаңлар» Марка жазған Хош Хабар 1:16–20 ПЕНТР, АНДРЕЙ, ЯҚЫП ҲӘМ ЮХАН ИЙСАНЫҢ ИЗИНЕН ЕРДИ МЕ? ЯМАСА ОЛАР БАЛЫҚШЫЛЫҚ ЕТИЎДИ ДАЎАМ ЕТТИ МЕ? Ерте таң атып, енди-енди күнниң биринши нуры түсип атыр еди. Галиланың айдыны тегислигинде балықшылардың кемелери тыныш ғана сырғанайды. Олардың биреўинде еки аға-инили Петр ҳәм Андрей, ал басқасында — Яқып пенен Юхан болып, олар да аға-инили еди. Түни бойы олар балық аўлады. Төртеўи де тәжирийбели балықшы болып, тез-тез түни бойы балық аўлаўға баратуғын еди. Аўлаған балықлары менен олар таң ата теңиз жағасына келер еди. Олар балықты үлкен аўлар менен аўлар еди. Дәслеп балықты кемеге жайластырып, соң қырға алып шығатуғын еди. Сол жерден кемениң қапталынан бир шетинен услап турып аўларын таслады. Балықлар аўдың ишине жүзип келди ҳәм оның ишинде шатасып қалды. Балықларға толған аўды аға-инилилер суўдан шығарып алып, аўлаған аўлары менен үйлерине қайтты. Тутқан балықлары менен аўқатланды. Бирақ олар тез-тез тутқан балықларын сатып пуллап, нан ҳәм аўқатылық затлар алар еди. Аўын теңизге таслап, балықшылар күтип отырды. Арасында олар қалғып кетти. Арасында олардың кемелерин айландырып жүрген шағалаларға сүйсинип қарап отырды. Арасында теңизге барып келип жүрген адамларға қызықсынып қарады. Мине, бир күни олар жолдасы жоқ бир адамды көрди. Бул Ийса еди! Ол үлкейип ержеткен еди. Ол Петр менен Андрейге былай деди: — Изиме ериңлер, Мен сизлерди адам аўлайтуғын етемен. Соң Ол Яқып пенен Юханнан изинен ериўин сорады. Аға-инилилер бир-бирине қарап «адам аўлаўшы» деген сөздиң мәнисин түсинбеди. Бирақ қандайда бир нәрсе усыларды сизлерге Ийсаның изинен ериңлер деп Қудайдың Өзи шақырып атыр деп айтқандай болды. Бул адымды олардан Қудай күтип турғанын сезди. Солай етип, Петр, Андрей, Яқып ҳәм Юхан әҳмийетли таңлаў жасаўы керек еди. Олар Қудайдың даўысына қулақ салып, Ийсаның изинен ериўи ҳәм Оның шәкирти болыўына болар еди. Ямаса олар өзлериниң кемелеринде қалып, балық аўлаўын даўам етиўине болар еди. Балықшылар не иследи? Петр ҳәм оның иниси Андрей қолларындағы аўды таслады. Олар услаған балықлардың ҳәммеси теңизге қайтып жүзип кетти. Яқып ҳәм оның иниси Юхан да аўларын таслады. Төрт балықшы күш салып ескек есип, қырға жүзди. Қурғақлыққа жүзип барып, Ийсаға жақынлады. Петр, Андрей, Яқып ҳәм Юхан Ийсаға, изине ериўин ҳәм Оның жақсы дослары болатуғынын айтып ўәде етти. Олар Ийсадан көп нәрселер үйренип, Оның шәкиртлери болды. Төрт балықшы «адам аўлаўшы» болып, адамларға Қудайдың сүйиспеншилиги туўралы айтатуғын болады. Қудай Петр менен Андрейдиң, Яқып пенен Юханның Ийсаның изинен ериўи ушын жуўырып кеткенлигине қуўанды. Қудай олардың Ийсаның садық шәкиртлери болатуғынын билди. Еске түсирейик Ҳəр бир кемеде неше аға-инили болды? Балықшылар қырда Кимди көрди? Ийса оларға не усынды? Төрт балықшы дурыс таңлаў жасады ма ямаса надурыс па? Өз таңлаўың үстинде ойлан Ийса сениң де Оның жəрдемшиси болғаныңды қəлейди. Оның ушын төрт балықшының ислегениндей етип, дəслеп Ийсаның шəкирти болыўың керек. Сен жəрдемиң неден туратуғынын қашан үйренесең? Дурыс таңлаўды үйрен Қағазға теңиздиң сүўретин сал ҳəм суўда тербетилип турған кемени соқ. Қызықлы болыў ушын қағаздың төменги тəрепине желим жақ ҳəм үстине қум себеле. Ямаса балықшалардың формсындай болған печеньелерди же! Бизлер де Ийсаның жәрдемшилери бола аламыз. Дуўа етейик Жаратқан Ийем, сен бизлерди Ийсаның шəкирти болыўға шақырдың. Буның ушын не ислеў керек екенлигимизди көрсет. Ийсаның атынан. Аўмийин. Қудық қасында Юхан жазған Хош Хабар 4:4–30, 39 ҚУДЫҚТЫҢ ҚАСЫНДА ИЙСА УШЫРАТҚАН ҲАЯЛ БАСҚАЛАРҒА ОЛ ҲАҚҚЫНДА АЙТЫП БЕРДИ МЕ? ЯМАСА ОЛ БУНЫ ИСЛЕЎДЕН ҚОРҚТЫ МА? Енди Ийсаның он еки шәкирти болды. Олар ҳәмме жерде Оның изинен ерди. Бир күни Ийса Өзиниң шәкиртлери менен басқа елге барды. Олар қаладан онша алыс емес жерге барып тоқтады. Ийса қудықтың қасына дем алыў ушын отырды, ал шәкиртлери қалаға аз-маз аўқат алып келиў ушын кетти. Ийса таң азаннан баслап жолда еди ҳәм түсте қатты суў ишкиси келди. Бирақ, онда қудықтың суўын батырып ишиў ушын ыдыс болмады. Тез арада қудық бойына бир ҳаял келди. Ол суў алыў ушын түсте келгени таң қаларлық еди. Бирақ бул ҳаял басқа ҳаяллар суў алыўға қудыққа келетуғын ўақытта келип, олардың көзлерине көрингиси келмейтуғын еди. Ол өзиниң айырым ислеген ислери ушын уялды, соның ушын, адамлардың көзлерине көрингиси келмейтуғын еди. Бирақ ол Ийсаны билмейтуғын еди. Оның ойы бойынша бул Адамға оның өмири туўралы ҳеш нәрсе мәлим емес. Демек, ол Оннан жасырынбасада болады. Ийса оннан суў сорады. — Не ушын Сен меннен суў сорайсаң? Себеби Сениң халқың бизиң халықты жаман көреди-ғо, — деп ҳаял таң қалды. Ийса буған жуўап берип: — Сен Мениң Ким екенимди билмейсең. Егерде сен Мени билгениңде өзиң Меннен суў сораған болар едиң ҳәм қайтып шөллемеген болар едиң. Соң Ол былай деди: — Бар усы жерге күйеўиңди алып кел. — Мениң күйеўим жоқ, — деп ҳаял мойынлады. — Дурыс айттың сениң күйеўиң көп болды. Ҳәзир жасап атырғаның да күйеўиң емес. Ҳаял ҳайран болып қатып қалды. Ийса ол ҳаял ҳаққында ҳәмме нәрсени билер еди. Бирақ ол ҳаял ушын Ийса ең жақсы Адам болып көринди. Ийса ҳәм ҳаял Қудайға сыйыныў туўралы сөйлести. Ийса ол ҳаялға Өзиниң Қудайдың улы, дуньяның Қутқарыўшысы екенлигин айтты. Усы ўақытта қудыққа Ийсаның шәкиртлери келди. Бирақ олар екеўиниң не сөйлескенин сорамады. Солай етип, ҳаял әҳмийетли таңлаў жасаўы керек еди. Ол қалаға барып, өзиниң барлық танысларына Ийса туўралы айтыўына болар еди. Әлбетте, усының менен ол уялғаны себепли, дус келиўден қорқып қашып жүрген адамлары менен ушырасар еди. Ямаса ол үйине барып, ҳеш кимге Ийса туўралы айтпаса да болар еди. Енди оған адамлар менен ушырасыў қорқынышлы болмады. Оған Ийса жәрдемлести. Ҳаял не иследи? Ол қалаға жуўырып кетти. Енди ол ушын адамлар менен ушырасыў қорқынышлы болмады. Оған Ийса жәрдем етти. Ийса ҳаялға қалай етип Қудайға сыйыныў кереклигин түсиндирди. Жолында ким менен ушырасса солардың ҳәммесине: — Мен туўралы ҳәмме нәрсени билетуғын Адамды тез барып көриңлер. Ол, Қутқарыўшы болыўы керек. Көплеген адамлар қудық қасына түс болыўына қарамай келип, Ийсаны тыңлады. Олар усы ҳаял айтқан Ийсаның олардың қаласына келгенине қатты қуўанды. Қудай да қатты қуўанды. Қала турғынларының ҳәммеси Ийсаны билди, себеби сол ҳаял оларға Ийса туўралы әжайып хабар айтқан еди. Өйткени адамлар Ийса туўралы билиў ушын, Ол ҳаққында кимдур айтыў керек еди! Еске түсирейик Ийса ҳаялға қандай өтиниш пенен хабарласты? Неге бул ҳаял адамлар менен ушырасып қалыўдан қашып жүрди? Не ушын ол ҳаял бурын өзи қашып жүрген адамлары менен сөйлесиўди шешти? Ҳаял дурыс шешим қабыл етти ме ямаса надурыс па? Өз таңлаўың үстинде ойлан Сен досларыңа Ийса туўралы не айта аласаң? Оларға Ийса туўралы өзиңниң қосықларыңды айта аласаң ба? Сүўретке қарап отырып Мухаддес Жазыўдан бир ўақыяны айта аласан ба? Дурыс таңлаўды үйрен Китаптың, журналдың ҳəм каталоглардың бетлерин аш ҳəм ҳəр түрли миллетлерден адамлардың сүўретлерин тап. Қудай ҳəммени жақсы қөреди! Басқа адамларға өзиңниң сүйиспеншилигиңди қалай көрсете аласаң? Ийса бизлердиң танысларымызға Өзи туўралы айтып бериўимизди қәлейди. Дуўа етейик Жаратқан Ийем, Саған миннетдармыз, себеби Сен бизлер туўралы ҳəмме нəрсени билесең ҳəм бизлерди жақсы көресең. Усы қуўанышлы хабарды басқа адамлар менен қалай бөлисиў кереклигин бизлерге көрсет. Ийсаның атынан. Аўмийин. Қашықлықтан шыпа алыў Матта жазған Хош Хабар 8:5–13 РИМ ӘСКЕР БАСЫ ҚАШЫҚЛЫҚТА ТУРЫП. ИЙСАНЫҢ ЕМЛЕЙ АЛАТУҒЫН КҮШИНЕ ИСЕНДИ МЕ? ЯМАСА ОЛ ИЙСА АЎРЫЎДЫ ЕМЛЕЎИ УШЫН, ӘЛБЕТТЕ ОНЫҢ ҚАСЫНДА БОЛЫЎЫ КЕРЕК ДЕП ОЙЛАДЫ МА? Ийса қайда бармасын адамларға Қудайдың сүйиспеншилиги туўралы айтты. Ол сондай-ақ, қол тийгизип аўрыўларды емледи. Адамлар Ийсаның сүйиспеншилигин ҳәм шыпалайтуғынын еситип, ҳәтте узақ жерлерден келди. Ийса қайсы қалаға барса да халық жән-жақтан келип, лыққа тола берди. Оның алға жүриўи қыйын еди, себеби адамлар қалың дийўалдай болып, Оны қоршап алар еди. Бир күни Рим жүзбасысы Ийса менен сөйлести. Жүз басының үйинде оған садық қулы қалған еди. Ол жүдә наўқас болып, оны ҳеш ким емлей алмады. Ол өзин сондай жаман сезип, Ийсағада келе алмады. Соның ушын, Ийсаға оның хожайыны келген еди. Мүмкин, ол адамлардан Ийсаның адамларды емлейтуғыны туўралы көп еситкен шығар. Ийса ҳәр сапар аўырыўлардан не қәлейтуғынын сорайтуғын еди, кейнинен ол қолын тийгизгенде, адамлар шыпа алды. Жүзбасы Ийсаға былай деди: — Мениң үйимде аўырыў хызметкерим бар. Ол төсекте жатыр ҳәм қозғала алмайды. Оған дым аўыр. Ийса жуўап берип: — Мен сениң үйиңе барып, сол хызметкериңди емлеймен. Солай етип, рим жүзбасысы әҳмийетли таңлаў жасаўы керек еди. Ол Ийсаны сонша адамларды таслап үйге жүр деп мирәт етиўине болар еди. Мүмкин, сол аўырыў хызметкерине жәрдем бериўине еле кеш емес шығар. Ямаса ол Ийсаның алыста турып-ақ, емлей алатуғын күшке ийе екенлигине исениўине болар еди. Мине рим жүзбасы Ийсаға не айтты: — Сениң мениң үйиме келетуғындай мен турақлы емеспен. Мен билемен. Сен тәўир болсын деп буйрық берсең, хызметкерим тәўир болады. Мен буны әскербасы ретинде айтып турман. Мен әскерлериме жүриңлер деп буйрық берсем, олар орынлайды. Мен Сениң емлей алатуғын күшиңе исенемен. Егер, Сен мениң хызметкерим тәўир болсын деп буйрық берсең, ол тәўир болады. Ийса көтериңки даўыс пенен: — Сениң исенимиң қандай күшли! Кете бер сениң хызметкериң саўалды! Рим жүзбасы үйине асығып қайтты. Үйине келсе ол өзиниң хызметкерин көрди, ол төсегинен турған ҳәм жумыс ислеўге таяр екен. Ол саўалды! Ийса ол саўалды деген ўақытта, хызметкер сол саатта шыпа алды. Ийса Рим жүзбасының Оның емлейтуғын күшине сонша күшли исеними бар екенине қуўанды. Сол адамның хызметкериниң саўалғанына қуўанды. Еске түсирейик Рим жүзбасы Ийсаның емлей алатуғын күшине исенди ме? Усы жүзбасы дурыс таңлаў жасады ма ямаса надурыс па? Өз таңлаўың үстинен ойлан Бугин бизлер Ийсаны көре алмаймыз. Бирақ Оның күшине исенип, жəрдемине үмит етиўимизге болады. Ол күш кимге зəрүр? Ийсаның күши көзди ашып жумғанша келмеседе, Ол саған жəрдем бере алатуғынына исенесең бе? Дурыс таңлаў жасаўды үйрен Ким менен болса да мына ойынды ойна. Басқа бөлмеде турған екинши ойыншы сениң көрсетпелериңди орынласын. Оған мысалы былай де: «Секир, марш пенен жүр, бет-аўзыңды қыйсат» Кейнин «Мени қушақла!» деп команда бер. Усыннан кейин Ийсаның «қушағынан» алыста болғанлар ушын ҳəм Оған мүтəжлер ушын дуўа ет. Бизлер менен бирге ҳәм бизлерден алыс адамларға да Ийса жәрдем бере алады деп Oған исенсек болады. Дуўа етейик Жаратқан Ийем бизиң шаңарағымызды ҳəр қандай қыйыншылықлардан ҳəм бахытсызлықлардан қорғағайсан. Бизлер жақсы көрген, бизлер менен бирге жүрген ҳəм бизлерден алыста болғанлар менен бирге болагөр. Ийсаның атынан. Аўмийин. Жәрдем бериўши қол Мата жазған Хош Хабар 12:9–14 ИЙСА ЖАҚСЫ БОЛЫЎДЫ ҲӘМ АДАМЛАРҒА ЖӘРДЕМ БЕРИЎДИ ШЕШТИ МЕ? ЯМАСА ОЛ СҮЙИСПЕНШИЛИК ҲӘМ ҒАМХОРЛЫҚ ҲАҚҚЫНДА БИР СӨЗДЕ БОЛМАҒАН НЫЗАМНЫҢ ҲӘРИПЛЕРИНЕ ШЕКЕМ ҚАРАДЫ МА? Ийса Қудайдың ҳәмме нызамларын билди ҳәм Ол ҳәммесин орынлады, себеби Ол Қудайды, Өзиниң Аспандағы Әкесин жақсы көрди. Бирақ адамлар басқа нызамлар ойлап тапты. Олардың бир қаншалары жақсы емес ҳәм әдилсиз болды. Ол нызамлар жийи-жийи адамларды алдаў ушын пайдаланылды. Бир күни Ийса ҳәм Оның шәкиртлери синагогаға Қудайға сыйыныў ушын келди. Алтыншы күн — дем алыс күни еди. Адамлар Қудайға сыйынды ҳәм Оның берген ырысқы несийбеси ушын Оған миннетдаршылық билдирди. Синагогада Ийса солып қалған қолы бар бир кисини көрди, ол ҳеш нәрсе ислей алмайтуғын еди. Ол жаза алмады, жумыс ислей алмады ҳәтте өзи кийине алмады. Ийса майып адамды емлегиси келип кетти. Бирақ адамлар тәрепинен ойлап табылған нызамлар буны ислеў ушын Оған қарсылық етер еди. Адамға жәрдем етиў жумыс пенен теңлестирилди, ал алтыншы күни жумыс ислеўге ҳеш кимниң ҳуқықы жоқ еди. Ийса әҳмийетли таңлаў жасаўы керек еди. Ол Әкесине, Қудайға унаўдың бир жолын билетуғын еди — бул адамларға қайырхом болыў ҳәм оларға жәрдем бериў еди. Соның ушын, Ийса майып адамды шыпалағысы келди. Ол буны тап сол Қудайға сыйынатуғын синагогада ислегиси келди. Бирақ нызамшылар Оның ис-ҳәрекетин билип қояр еди ҳәм буны мақулламаған болар еди. Ол бул адамға жәрдем бериўи ушын басқа күнди күтиўине болар еди. Егер Ийса басқа күнди күткенде, ол киси кетип қалған болар еди. Ийса не иследи? Ол артына, Өзин тоқтатқысы келген нызамшыларға қарап, былай деди: — Егер сизлердиң қойыңыз шуқырға түсип кеткенде не қылған болар едиңлер? Оны алтыншы күни шығарар ма едиңлер ямаса келеси күнди күтесизлер ме? Адам баласы қойдан гөре қымбатырақ. Соның ушын, ҳәтте алтыншы күни адамларға жәрдем бериў жүдә дурыс болады. Усы сөзлерден кейин Ийса қолы ләң адамға: — Қолыңды соз, — деди. Майып қолын созып еди, сол сәтте-ақ саўалды! Майып адамды емлегени ушын Қудай Ийсаға кеўли толды. Ол Аспандағы Әкесин алғыслаў ушын жақсы усыл таўды. Еске түсирейик Ийса синагогаға ҳəптениң қайсы күни келди? Сол жерде көрген майып адамға Ийса не ислегиси келди? Не ушын нызамшылар усы адамға Ийсаның жəрдем бериўин қəлемеди? Ийса дурыс таңлаў жасады ма ямаса надурыс па? Өз таңлаўың үстинде ойлан Қудайға сыйыныў ушын қайсы күн ажыратылған? Жəмəəтке барыў арқалы сен Қудайға сүйиспеншилигиңди көрсетесең. Басқа адамларға жəрдем бериўиң арқалы Қудайға сүйиспеншилигиңди көрсетесең бе? Дурыс таңлаўды үйрен Келеси сапар жəмəəтке машина менен баратырған ўақытта мына нəрсени ислеўиңе болады. Жақсы ислериңниң жобасын жаз, ол саған адамларға жəрдем бериўиңе мүмкиншилик береди. Мүмкин, сен қартайған адамларға барыўды ямаса аўырып атырған адамға открытка жазыўды жобаластырарсаң. Айрықша етип ажыратып қойған күни бизлер жақсы ислеримиз бенен ҳәм адамларға жәрдем бериўимиз бенен Қудайды алыслаўымызға болады. Дуўа етейик Жаратқан Ийем, адамларға қалай мийримли болыўымыз кереклигин ҳəм Сениң айрықша күниңде оларға қалай жəрдем бериўимизди бизлерге көрсет. Бизлер Сени қатты жақсы көретуғынымызды билиўиңди қəлеймиз. Ийсаның атынан. Аўмийин. «Мен бириншимен!» Марк жазған Хош Хабар 9:33–37 ИЙСАНЫҢ ШӘКИРТЛЕРИ БИР-БИРИН ҚОЛЛАП-ҚУЎАТЛАДЫ МА? ЯМАСА ОЛАР ЕҢ БАСЛЫСЫ КИМ ДЕП СОРАДЫ МА? Дерлик ҳәмме ўақыт Ийсаның шәкиртлери Оның менен бирге болды. Олар бирге аўқатланды, бирге саяхат етти. Олар бир шаңарақтай болып жасады. Шәкиртлери Ийсаны тыңлады ҳәм Қудайдың сүйиспеншилиги ҳаққында басқа адамларға айтып берди. Шәкиртлери өзлериниң көпшилик ўақытларын жақсы дослар сыяқлы бирге өткерип, бир-бирине жәрдем берди. Бирақ айырым ўақытлары үлкен шаңарақ сыяқлы, олар Ийса неге үйреткенлигин умытып қалды. Айырым ўақытлары бирбири менен жақсы қатнаста болып, бөлисиў кереклигин де умытты. Соның менен бирге, олар сүйиспеншиикти де умытып қалар еди. Бир күни Ийсаның шәкиртлери ҳәммеси биргеликте бир қалаға бағдар алды. Жолда олар сөйлесип барды. Мүмкин, олар ҳаўа-райы ҳаққында әңгимелескен шығар. Бир-неше саат алдын Ийсадан еситкен тарийхты еслеген шығар. Сол ўақытта бир шәкирти бирден Ийса мени ҳәммеден бетер жақсы көреди, мен бириншимен, Оның ең жақсы шәкиртимен деди. Бундай дағазаны еситкен Ийсаның басқа шәкиртлери қапа болды. Солай етип, олар әҳмийетли таңлаў жасаўы керек еди. Олар жумсақ сөз бенен бир-бирине Ийса ушын ҳәмме бирдей деп айтыўына болар еди. Сонда олар өз-ара айтыспаған болар еди. Ямаса олар тартысты созыўына да болар еди. Ҳәр қайсысы өзин, мен Масихтың шәкиртлериниң арасында ең баслысыман ҳәм ең жақсысыман деп исендириўине болар еди. Шәкиртлери не иследи? Олар тартысып баслады. Бир шәкирти мен Ийса ушын ең кереклисимен, өйткени мен Оның айрықша тапсырмаларын орынлайман деди. Басқасы мен Ийса менен ҳәммеден бурын таныстым, соның ушын мен ең баслысыман деди. Басқасы мен ҳәммеден жасы үлкенимен, соның ушын, мен ең баслысыман деди. Ал басқасы анасы менен Ийса таныс болғаны ушын мен ең баслысыман деди. Олар бир-бири менен тартысыўды, урысыўды ҳәм жәнжеллесиўди тоқтатпай жүрип кете берди. Соңында Ийса олардан не хаққында сөйлесип атырғанын сорады. Он еки шәкиртиниң ҳеш қайсысы Оған жуўап бермеди. Олардың не ҳаққында сөйлесип атырғанын Ийса билип қояды деп, оларды қорқытқан нәрсе усы болды. Бирақ, Ийса бәри бир билди! Ол Өзиниң шәкиртлерине былай деди: — Мениң көзимде сизлердиң ҳәр бириңиз ең баслы болып көрингиңиз келип атырғанларыңызды билемен. Егер сизлер усыны ислегиңиз келсе, онда сизлер ҳәммеге ҳәм ҳәр бир адамға жәрдем бериўиңиз керек. Ийса қолына кишкене баланы көтерип, сөзин даўам етип былай деди: — Әсиресе балаларға қайырхом болыңлар. Кишкенелерге жақсылық ислеў Маған жақсылық ислеў менен тең. Ал, сизлердиң Маған ислегенлериңиз, Қудайға, Мениң Аспандағы Әкеме ислегениңиз болады. Олар қапа болды, себеби Ийса олардың ортасында жәнжелдиң болмаўын қәлейтуғынын олар билген еди. Ҳәр ким өзин жоқары көтергениниң орнына өз жақынына жәрдем бериўин Ийса қәлейтуғынын олар билди. Олар бир бирин қоллап-қуўатлаўы, ҳәтте кишкене балаларға да жәрдем бериўи шәрт еди. Ийса шәкиртлериниң бир бирине жәрдем бериўин қәлер еди. Бирақ, олар өз ара ким ең баслысы деп тартысқаны менен бир бирин жақсы көриўин тоқтатпады. Қудайдың Улы болған Ийса оларды кеширди ҳәм оларға Оның қалай етип, ең жақсы шәкирти бола алатуғынын көрсетти. Еске түсирейик Шəкиртлери не хаққында тартысты? Олар дурыс шешим қабыл етти ме ямаса надурыс па? Масихтың пикири бойынша, Ол ушын ең айрықша кереклиси ким? Өз шешимиң үстинде ойлан Сен Ийсаның достысы бола аласаң ба? Сен кандай адамларға жəрдем бересең? Мүмкин, сениң үй ағзаларыңның ҳəммеси кимгедур жəрдемлесетуғын шығар. Дəл сол сыяқлы сизлер де бир бириңизге жəрдем бере аласызлар! Дурыс таңлаўды үйрен Музлатқыштың қапысына «Мен Ийсаның достысыман. Мен адамларға мынадай етип жəрдем бере аламан _____ » деп жаз. Егер карточкада бос орын қалса, басқа адамларға қалай жəрдем беретуғының туўралы жаз ҳəм сүўрет сал. Адамлардың алдында өзиңди керекли етип көрсеткеннен гөре, оларға жәрдем берген жақсырақ. Дуўа етейик Жаратқан Ийем, басқа адамлардың алдында өзлеримизди керекли адамдай етип көрсететуғынымыз ушын бизлерди кешир. Сен бизлердиң ҳəммемизди бирдей жақсы көресең ҳəм бизлер бир-биримизге жəрдем бериўимизди Сен қəлейсен! Саған миннетдармыз. Ийсаның аты менен Аўмийин. Ийса балаларды жақсы көреди Матта жазған Хош Хабар 19:13–15 ИЙСАНЫҢ ШӘКИРТЛЕРИ УСТАЗҒА БАРЫЎЫНА МҮМКИНШИЛИК БЕРДИ МЕ? ЯМАСА БАЛАЛАРДЫҢ ОҒАН БАРЫЎЫНА ЖОЛ ҚОЙМАДЫ МА? Бәҳәрдиң жағымлы күнлериниң биринде бир киси қалаға әжайып хабар алып келди. Ийса қала турғынларына киятыр! Ол бүгин усы жерде болады! Усы қалада жасаўшы барлық шаңарақтың әкелерине сол сәтте-ақ, жумыс табылған шығар. Мүмкин, олар жолды таслардан ҳәм шақалардан тазалаған шығар. Мүмкин, олар Ийса отырып дем алыўы ушын қолайлы жер таярлаған шығар. Кейин ер адамлар Ийсаның келиўин шыдамсызлық пенен күтиўи турған гәп. Усы қаланың барлық аналары да өзлерине жумыс тапқан шығар. Олар дорбалары менен аўқат тасыған шығар. Мүмкин, олар өзлериниң балаларын шомылдырған болыўыда мүмкин. Соңынан ҳаяллар өзлериниң ең жақсы кийимлерин кийген шығар. Олардың ҳәр бири Ийсаны тезирек көриўге асықты. Ақыры соңында биреў: — Ийса қаланың дийўалына жақынлады деп бақырды! Ҳәмме көшелерге топарласып шықты ҳәм жолға қарап турды. Ийсаны күтип турған әкелер менен аналар мүмкин бир бири менен өз ара әңгимелесип турған шығар. Олар балаларының ҳәр қайсысын, тап ең кишкенесине шекем Ийса қолына алып пәтиясын берсе жақсы болар еди деп, дәметип турды. Ийса ҳәммени жақсы көремен деп бәрҳәма айтар еди. Әлбетте, балаларды да жақсы көрди. Ийса қалаға кирип келди ҳәм Оған таярлап қойған жерге отырды, ол жерде Ийса қала турғынлары менен күң бойы сөйлести. Адамлар Оны бар дыққат пенен тыңлады. Ҳәтте, балалар да оларға сол күни айрықша Адам келгенин түсинди. Олар Ийса бизлерди нәзерге аларма екен деп қызықсынды. Түслик ўақыт келгенде, ҳаяллар аўқатларын шығара баслады. Ҳәмме тап сол жасыл шөптиң үстинде аўқат жеў ушын отырды. Ийсаның шәкиртлери Оған жақын отырды ҳәм өз ара әстен сөйлести. Олар Устаздың тынышын алғысы келмеди. Бирден бир неше ата-аналар қолларына балаларын алып, Ийсаға қарай жүрди. Бирақ шәкиртлери буны сезди. Олар балалардың Ийсаның мазасын алыўын қәлемеди. Олар ушын балалар Ийсаның дыққат аўдарыўына турақлы емес деп шешкен болыўы мүмкин. Солай етип, Ийсаның шәкиртлери әҳмийетли таңлаў жасаўы керек еди. Олар ата-аналарға балаларын Устазға алып келиўине жол бериўине болар еди. Ямаса оларды балалары менен қуўып жиберип, Оған кимдур келгенин айтпай буны Ийсадан жасырыўына болар еди. Мине, шәкиртлери не иследи. Балаларыңыз бенен Устаздың мазасын алмаң, — деди олар ата-аналарға. Ийсада балалар ушын ўақыты жоқ. Ол жүдә бәнт ҳәм оларды көргиси келмейди. Мине, усылай етип жуўап берди олар. Ийса балаларды жаман көриўи мүмкин бе? — деп, ата-аналар қапа болды. Бирақ, Ийса шәкиртлериниң сөзин еситип былай деди: — Балаларды Маған жибериңлер. Олар Мениң Патшалығымдағы ең әҳмийетли адамлар. Балалар Ийсаға жақынласты. Ең кишкенесин Ол дизесине отырғызды. Ол балаларға қызықлы тарийх айтып берди. Соңынан Ийса барлық балаларға пәтиясын берди ҳәм ҳәр бирине, ҳәтте ең кишкенеси ушын да дуўа етти. Барлық балалар жүдә бахытлы еди! Барлық аналар ҳәм әкелер де бахытлы еди. Мине, усы жерде шәкиртлери өзлериниң алжасқанын түсинди. Ийса ҳеш қашан балаларға дыққат аўдара алмайтуғындай жумыс пенен бәнт болмайтуғынын түсинди. Ийса балаларды жақсы көреди ҳәм балалар да Ийсаны жақсы көреди. Еске түсирейик Не ушын ҳəр бир шаңарақта Ийсаны күткен еди? Балалардың ата-аналарына шəкиртлер не айтты? Шəкиртлери дурыс таңлаў жасады ма ямаса надурыс па? Балаларды көрип, Ийса не айтты? Өз шешимиң үстинде ойлан Сениң дыққатыңа сазаўар емес адам менен сөйлесип көрдиң бе? Мүмкин, сен кишкене иниңди ямаса кишкене сиңлиңди тыңламаған шығарсаң? Ийса ушын ҳəмме адамлар қəдирли, соның ушын ҳəр бир адам саған қəдирли болыў керек. Дурыс таңлаўды үйрен Саған таныс балаларға мына Мухаддес китаптағы тарийхты көрсет. Солай етип, сен оларды Ийсаға алып бараман деп айтыўыңа болады. Бизлер өзлеримиздиң досларымызды асырап сақлаўымыз керек, себеби олар Ийсаға қымбатлы. Дуўа етейик Ийса мен Саған қуўанышлыман, себеби Сен мени жақсы көресең ҳəм барлық балалар Сен ушын қымбатлы. Мен оларды қəдирлейтуғынымды оларға айтыўыма жəрдем етегөр. Сениң атың менен Аўмийин. Ким көмеклеседи? Лука жазған Хош Хабар 10:25–37 САМАРИЯЛЫ ЖОЛАЎШЫ ТАЯҚ ЖЕГЕН АДАМҒА ЖƏРДЕМ БЕРДИМЕ? ЯМАСА ҚАСЫНАН ӨТИП КЕТТИМЕ? — Ким мениң жақыным? — деп бир адам Ийсадан сорады. Сораў берген адам Ийсаның жуўабын еситкиси келген еди, себеби Қудайдың нызамында былай деп жазылған еди: «Қудайың болған Жаратқан Ийеңди шын жүрегиңнен сүй. Соның менен бирге, қасыңдағы туўысқаныңды өзиңди жақсы көргендей жақсы көр» Бул сораўға Ийса жуўап берип болып, оларға тымсал айтып берди. «Бир киси Ерусалимнен Ерихонға адамсыз жолдан жүрди. Оның жолын қарақшылар тосып турғанын ол билмеген екен. Қарақшылар бирден оған топылыс жасады! Олар жердиң астынан өсип шыққандай болды. Қарақшылар жолаўшыны сабап таслап, оның ақшаларын алып қойыпты. Соңынан тоналған ҳәм таяқ жеген адамды олар жолға таслап кетти. Тез арада сол жолдан бир киси көринди, ол диний хызметкер еди. Ол жәбир шеккен адамды көрди, бирақ оған көмеклесиў ушын тоқтамады, себеби оны танымайтуғын еди. Мүмкин, диний хызметкер қатты асығып турған шығар ямаса оған жәрдем бергиси келмеген болыўы да мүмкин. Соннан кейин жолда басқа адам пайда болды. Ол руўханийлерге жәрдем беретуғын еди. Ол да өзи танымаған таяқ жеген, тоналған адамды көрди, ол да жәбир шеккен адамға жәрдем бериў ушын тоқтамады. Мүмкин, ол адам жүдә бәнт шығар ямаса ол үстим патас болып қалады деп ойлаған шығар. Тез арада сол жолда басқа адам пайда болды. Ол Самария тәрептен киятыр еди ҳәм ол да таяқ жеген адамды көрди. Бул жолаўшы таяқ жеген бахытсыз адамның ким екенин билмейтуғын еди, бирақ оған жәрдем керек болып атырғанын түсинди. Солай етип, самариялы әҳмийетли таңлаў жасаўы керек еди. Ол тоқтап қарақшылардан жәбир шеккен адамға жәрдем бериўине ямаса басқа жолаўшылар сыяқлы өз жолы менен кете бериўине де болар еди. Мине, самариялы не иследи. Ол өз ешегин тоқтатып, таяқ жеген адамның қасына тез жуўырып барды. Оның жарақатларын жуўды ҳәм жараларын көйлегинен жыртып алған шүберек пенен таңыпты. Соң ол ҳалдан кеткен адамды түргелтип, әсте абайлап ешегине отырғызып, оны қала тәрепке алып кетипти. Ақыры олар мийманханаға жетип барыпты, әдеттегидей ол жерде жолаўшылар түнеп қалыў ушын тоқтар еди. Бул мийримли адам ертеңине азанда жолын даўам етиўи керек еди. Ол мийманхана хожайнына ақша берди ҳәм оннан өзи алып келген адамға қарап турыўын өтинди. Соның менен самариялы былай деди: «Егер сен оған мен бергеннен де көп ақша жумсасаң, қайтып киятырып берип кетемен», — деп хошласыпты». Ийсаның айтқан тымсалының жуўмағы усындай еди. Соңынан Ийса олардан сорады: — Енди усы үшеўиниң ишинде қайсысы қарақшылардың қолына түскен адамның жақыны болады, деп ойлайсаң? Тымсалды еситкен адам, оның жуўабын енди билер еди. Ол былай деди: — Оның жақыны сол мийримли самариялы, ол тоқтап ҳәм оған жәрдем берди. — Сен дурыс айттың, сен де солай исле, — деди Ийса. Еске түсирейик Қудайдың нызамында жақын адамыңа сүйиспеншилик ҳаққында не айтады? Ийсаның айтқан тымсалы бойынша ким жақынының жəрдемине мүтəж еди? Самариялы жолаўшы жəбирленген адамға қалай жəрдем берди? Самариялы дурыс таңлаў жасады ма ямаса надурыс па? Өз шешимиң үстинде ойлан Бизлердиң жақынларымыз — бул бизлерге таныс адамлар. Қандай етип, бизлер оған жəрдем бере аламыз. Бийтаныс адамға жəрдем керек болып атырған болса бизлер не ислеўимиз керек? Дурыс таңлаўды үйрен Сениң үйиңе жақын жасап атырған адамларға жəрдем керек болып қалғанда қоңыраў етиў ушын олардың телефонларының номерлерин жазып алып қой. Ал ҳəзирше ойыншық телефон менен сөйлесип практика етип көр. Қудай бизлерге жақынларымызға қалай етип мийримли болыўымыз кереклигин үйретеди. Дуўа етейик Жаратқан Ийем, мийримли ҳəм жаны ашыр — бизлердиң жақын адамларымыз ушын Саған миннетдармыз ҳəм олар мийримли болғаны сыяқлы бизлер де оларға қалай етип мийримли болыўды көрсеткениң ушын да Саған миннетдармыз. Ийсаның атынан. Аўмийин. Үйден алыста Лука жазған Хош Хабар 15:11–24 АДАСҚАН УЛ ӨЗИНИҢ НАҲАҚ ЕКЕНЛИГИН ТҮСИНДИ МЕ ҲӘМ ҮЙИНЕ ҚАЙТТЫ МА? ЯМАСА ОЛ СОЛ ЖАТ ЖЕРДЕ ҚАЛҒАНЫ ЖАҚСЫ МА? Ийсаның тымсал айтып бергени адамларға унар еди. Адамлар Оны түсинди, себеби Оның тымсалында өзлериндей адамлар туўралы айтылар еди. Бир күни Ийса еки улы бар әке ҳаққында тымсал айтып берди. Үлкен улы әкесине хожалық алып барыўына көмеклести. Кишкене улы болса басқа еллерди көргиси келди. Ол әкесинен өзиниң мийрасына тийисли болған ақшасын сорады. Ол ақшасын тез арада алғысы келди. Деген менен де, әкесиниң мийрасынан қашан пайдаланаман деседе, бул оның ерки. Соның ушын да, әкеси оның өтинишин орынлады ҳәм олар бир бири менен хошласты. Бул жас бала барған узақ еллерде, ол жийи-жийи надурыс ислер иследи ҳәм тез арада әкесиниң берген ақшасын саўып қойды. Әкесиниң берген ақшасынан ҳеш нәрсе қалмады, ҳәтте нанға да пулы болмады. Аштан өлип қалмайын деп бала бир адамға жумысқа орналасты ҳәм оның шошқаларын бақты. Ол сондай аш болды, шошқаларға таярлаған аўқатларды жеди! Сонда ол ойланды: «Мениң әкемниң үйинде ҳәттеки жумысшылар тойып аўқатланады. Ал, мен болсам ашпан». Солай етип, кишкене ул әҳмийетли таңлаў жасаўы керек еди. Ол үйине қайтып, әкесинен кеширим сорап, бир тислем нан ушын сенде жумыс ислеўге таярман деп айтыўына болар еди. Ямаса шошқалардың арасында қалып, мен ҳеш қандай жаман ис ислемедим деўине де болар еди. Онда ол үйиме қайтаман деген пикиринен биротала хошласыўына туўры келер еди. Жас бала не иследи? Ол шошқаханадан бирден жуўырып шықты. Адасқан бала әкесине асықты. Әкеси оны елеге шекем күтип отырған еди. Мине, ақыр соңында ол үйине алып келетуғын жолда өзиниң кишкене улын көрди. Үстин шаң басқан, жупыны болып киятырған баласын көрди. Әкеси баласына ашыўланды ма? Қапа болды ма? Яқ! Ол тек өзиниң баласын қандай жақсы көретуғынын ҳәм оның қайтып келиўин ойлады! Әкеси қарсы күтип алыў ушын жуўырды ҳәм оны қушақлап сүйди. Бала әкесиниң алдында айыплы екенин мойынлады. Ақыр соңында ол бақырып жиберди: — Мен сениң балаң болыўыма турақлы емеспен. Әкеси не ислегенин билесизлер ме? Ол баласына үйиндеги ең жақсы кийимин кийгизди. Хызметкерлерине той дәстурханын жайыўын буйырды ҳәм барлық қоңсыларды шақырды, өйткени қоңсылар үйине қайтып келген баласын көрсин деген еди. Ийса бул тымсалды айтқандағы мақсети адамларға түсиниўине жәрдем бергиси келген еди. Усы тымсалдағы әкениң кишкене улын жақсы көргени сыяқлы Қудай да оларды қатты жақсы көреди деп түсиндирип, Ийса олардың билиўин қәледи. Ийса бул тымсалды кишкене ул сыяқлы ақылсыз ис ислеген адамларға айтып берди. Егер олар ислеген ислериниң жаман екенлигин мойынлап тәўбе етсе, онда олар кеширим алады. Олар Қудайдың үйине қайтып келе алады. Қудай оларды әлбетте қабыл алады. Еске түсирейик Не ушын кишкене улы шошқалардың жеми менен аўқатланып баслады? Ол үйине қайтыўды шешкенде, ол дурыс таңлаў жасады ма ямаса надурыс па? Адасқан улын əкеси қалай күтип алды? Бул тымсалдағы əке кимге уқсайды? Өз шешимиң үстинде ойлан Қəтеңди мойынлаў қыйын ўақытларың болды ма? Сениң туўысқанларың бир бирин кеширгенин қандай етип билдиреди? Сизлер бирге қушақласып көрисип, бирге дуўа ете аласыз ба? Дурыс таңлаў жасаўды үйрен Биреў менен жасырынбашақ ойна. Жасырынған адамды ҳəр сапар тапқан ўақтыңда, оны қушақла ҳəм «үйиңе» алып бар. Қудайға өзлеримиздиң ислеген ислеримизди айта аламыз ҳәм Oл бизлерди бурынғысынша жақсы көретуғын болады. Дуўа етейик Жаратқан Ийем, бизлер ҳəр сапар айыплы болғанымызда кеширим сораўымызға жəрдем еткейсең. Сен ҳəмме ўақыт бизлерди жақсы көретуғын Əкемиз болып қала беретуғының ушын Саған миннетдармыз. Ийсаның атынан. Аўмийин. Дөгеректиң барлық жеринен излеў Матта жазған Хош Хабар 18:12–14; Лука жазған Хош Хабар 15:3–7; Юхан жазған Хош Хабар 10:11 ШОПАН ЖОЙТЫЛҒАН ҚОЙДЫ ТАБАН ТИРЕП ИЗЛЕДИ МЕ? ЯМАСА ОЛ ҚОЙДЫ ТАСЛАП КЕТТИ МЕ? Ийса шопан туўралы және бир тымсалды айтып берди, оның оғада көп қойы болды. Жигирмадан да көп. Елиўден де көп. Ҳәтте, жүзлеген қойы болды! Ҳәр күни шопан қойларын жайлаўға жиберди. Қойлар ол жерден жасыл шөплер менен отлап, суўлар ишти, қуяштың нурында шапқылап ҳәм саяда дем алды. Ҳәр күни кеште қойлар үйлерине қайтты ҳәм шопан олардың ҳәммеси түўел екенине исениў ушын — тоқсан жети, тоқсан сегиз, тоқсан тоғыз, жүз деп санап шығар еди. Шопан дәрўазаларды жаўды ҳәм қойлар түни бойы толық қәўипсизликте болар еди. Бир күни шопан қәдимгидей етип, тоқсан жети, тоқсан сегиз, тоқсан тоғыз деп санады… Бул не? Жүзинши қой қайда? Ең соңғы кишкене ойсыз қозы қайда? Жойтылып қалған! Мүмкин, ол тикенлердиң арасында ямаса таслақ үңгирлердиң арасында оралып қалған шығар. Мүмкин, ол жарақатланып жүре алмай атырған шығар. Солай етип, шопан әҳмийетли таңлаў жасаўы керек еди. Ол қараңғы түнде барып қойын излеўине болар еди. Қойы табылмағанша излеўине болар еди. Ямаса ол үйинде қалыўына да болар еди. Бәрин айтпай, бирин айтсақ шопанның қол астында оннан басқа тоқсан тоғыз қойы болды. Оның үстине жойтылған қой үйине қайтқысы келмеген шығар. Шопан не иследи? Ол барлық қойлардың қорада толы қәўипсизликте екенлигине исенди. Соң шапанын ийнине илдирип, ҳасасын алды да жойтылған кишкене қойды излеўге жолға шықты. Ол бийик төбешикке көтерилди. Бирақ кишкене қозыны көрмеди. Ол барлық үңгирлерди көрип шықты. Бирақ ол жерден де оны таба алмады. Ол дәрья бойларын излеп шықты. Ҳеш жерде жоқ. Ең соңында шопан тикенек өсип турған алыс жерлерге атланды. Оның қулағына алыстан «Бе-бе-бе» деген маңыраған даўыс еситилгендей болды. Ол тикенеклердиң арасынан өтип барып, өзиниң қойын көрди! Жақсы шопан оны қолына алды ҳәм көкирегине қатты қысты. Соң койды ийнине арқалап, оны үйине абайлап алып келди. Шопан үйине келгенде, барлық досларын шақырыўды буйырды. Ол досларына: — Келиңлер мениң менен қуўанышымды бөлисиңлер деди! Кишкене қойым жойтылып қалған еди, мен оны таптым. Қорадағы қойлар да жойтылған достысының табылғанына қуўанысып қалды. Шопан ҳәр бир қой ушын қайырхомлық етиўи оларды қуўандырды. Ийса Өзин Жақсы Шопанман деп атап, усы тымсалдағы шопан қойларын жақсы көргени сыяқлы Ийса да бизлердиң ҳәр қайсымызды жақсы көреди. Ийса бизлердиң ҳеш қайсымыздың жойтылып кетиўи-мизди қәлемейди. Ол бизлердиң ҳәммемиздиң Оның изинен жүриўимизди қәлейди. Ийса Жақсы Шопан, Ол ҳәр бир адамға Қудайдың шаңарағында қәўипсиз болыўға жәрдем бере алады. Еске түсирейик Шопанның неше қойы бар еди? Бир күни кеште ол қойларын санап атырғанда нени билди? Ол дурыс таңлаў жасады ма ямаса надурыс па? Кимди Жақсы Шопан деп атайды? Өз шешимиң үстинде ойлан Ийса — сениң Шопаның. Оның изинен ериўиңе, Оны жақсы көриўиңе ҳəм Оған бойсыныўыңа қалай үйрене аласаң? Дурыс таңлаўды үйрен Жасырынбашақты басқаша ойнаўға да болады. Жақсы Шопан ҳаққындағы тымсалда айтылған кишкене қой болып көр ҳəм ойын барысында шопан сени таўып алыў ушын əсте маңырап көр. Ийсаны жақсы көриўди ҳәм Oған бойсыныўды үйренсек, бизлер Ийсаның — бизлердиң Жақсы Шопанымыздың изинен еремиз. Дуўа етейик Жаратқан Ийем, Ийса — Жақсы Шопанымыз ушын Саған миннетдармыз. Сениң үйиңде өзлеримизди толық қәўипсизликте сезе аламыз. Ийсаның атынан Аўмийин. «Ийса Саған миннетдарман» Лука жазған Хош Хабар 17:11–19 ОЛ КИСИ ӨЗИНИҢ САЎАЛҒАНЫ УШЫН ИЙСАҒА МИННЕТДАРШЫЛЫҚ АЙТТЫ МА? ЯМАСА ОЛ ӨЗИНИҢ ДОСЛАРЫ МЕНЕН ЖУЎЫРЫП КЕТИП ҚАЛДЫ МА? Ийса қаладан қалаға өтип отырып, көп адамлар Қудайдың оларға болған сүйиспеншилиги туўралы еситкиси келетуғынын билди. Ийсаны көргиси келген айырым адамлар аўырыўларынан қыйналар еди. Олар Ийсаны емлейтуғынын билди. Бир күни Ийса мақаў кесел менен аўырған он ер адамды көрди. Нызам мақаў кесел менен аўырғанларды дени саў адамларға жақынласыўды қадаған етти. Егер мақаў кесели бар адам саў адамларға жақынлағанда, аўырыў саў адамларға өтер еди. Соның ушын, нызам бойынша мақаў кесели бар адам өзлериниң шаңарағынан алыста жасаўы керек еди. Он мақаў кесели бар адамлар жолда кетип баратырған Ийсаны көрип, Оған жақынласыўға жүреги бармады. Олар қашықлық сақлаў кереклигин түсинди. Бирақ олар Ийсаның оларды емлегенин қатты қәлер еди. Соның ушын олар бар даўысы менен: — Ийса бизлерге жәрдем бер, өтиниш! Ийса бул адамлардың Оннан қандай жәрдем сорап атырғанын билди. Ийса оларға: — Үйлериңизге барыңлар. Сизлер енди аўырыў емессизлер деди. Мақаў кесел менен аўырған адамлар бахыты қушағына сыймай, өзлеринде умытып, орынларынан турып кетти. Өз шаңарақларын қандай қуўаныш пенен көре алады! Олар жол бойынша жуўырып баратырып бир бирине қарады. Өзлериниң жараларының кетип қалғанын көрди! Сол он кисиниң бири бирден тоқтап қалды. Сол ўақытта оның дослары жуўырыўын даўам етти, ал ол болса жолдың ортасында қаққан қазықтай турып алды. Ийсаның оларға ислеген кәраматлар ҳаққындағы оның басына келген ойы оны бирден тоқтатты. Солай етип, жолдың ортасында тоқтап қалған адам әҳмийетли таңлаў жасаўы керек еди. Ол Ийсаға барып, Оған миннетдаршылық айтыўына болар еди. Бундай ис дурыс болар еди. Ямаса ол шыпа алған басқа тоғыз адамлар қатарында қуйындай жуўырып кете бериўине болар еди. Егер басқалар жуўырып баратырған болса, оның жолдың ортасында турып қалыўы кимге кереги бар еди? Өйткени ол да басқалар сыяқлы үйине қатты қайтқысы келген еди. Мине, ол адам не иследи. Ол өзиниң ҳәр бир алға басқан қәдемин қәте деп шешти. Ол бәринен бурын алға қәдем басыў ушын кейинге қайтып, Ийсаға миннетдаршылық айтыўы керек еди. Соның ушын мақаў кеселден саўалған адам бурылып, Ийса турған жерге жуўырып барды. Ол Ийсаның алдына келип диз шөкти ҳәм өзиниң шыпа алғаны ушын Оған миннетдаршылық билдирди. Бул адам Қудайдың емлеўши күшине алғыс айтты. Ийса былай деп сорады: — Мақаў кесел менен аўырғанлар он емес пе еди? Мен емлеген қалған тоғыз адам қайда? Маған миннетдаршылық айтыў ушын бир өзиң келдиң бе? Ол адам қалған адамлардың үйлерине қарай жуўырып кеткенин билседе, ҳештеңе демеди. Ол Ийсаға миннетдаршылық айтыў ушын қайтып келгенине қуўанды. Ийса бул адамға күлип, былай деди: — Орныңнан тур, саған үйиңе қайтатуғын ўақыт болды. Сен Мениң емлей алатуғын күшиме исенгениң ушын, мине, сен тәўир болдың. Ол адам үйине қайтты. Үйине қайтып келгенде, жақынлары оны көргенине қуўанышлы болды. Ол да олар менен қайтадан бирге болғанына қуўанышлы болды. Ийса менен ушырасыўы оған қуўаныш берди! Еске түсирейик Мақаў кесел менен аўырған адам нешеў еди? Ийса оларға қалай жəрдем берди? Неге сол адамлардың ишинен биреўи тоқтап қалды? Бул адам дурыс таңлаў жасады ма ямаса надурыс па? Өз шешимиң үстинде ойлан Адамлар саған жəрдем бергенде, сен не деп айтасаң? Қудай саған қалай жəрдем береди? Сен бундай ўақытта қандай миннетдаршылық сөзлерин айтасаң? Дурыс таңлаўды үйрен Қудай бизлерге көп саўға иследи. Бизлерде дослар, жақынлар, азық аўқатлар, кийим, үй ҳайўанлар, ден саўлық ҳəм т. б. бар. Сен ойланып көр, əлипбедеги ҳəр бир ҳəрипке байланыстырып, Қудайдың саўғасын атай аласаң ба? Сен ҳəр күни өзиңниң дуўаңда сол саўғалардың бирине Қудайға рахмет айтыўыңа болады. Қудайға миннетдаршылық билдирмекши болған ҳәр бир адам және де бахытлы болады. Дуўа етейик Жаратқан Ийем, бизлер аўырғанда, өзлеримизди жақсы сезгенимизде, бизлер менен бирге екениңе Саған миннетдармыз. Сениң бизлерге жиберип атырған ҳəмме нəрселериң ушын Саған миннетдаршылық билдириўимизге бизлерге жəрдем бер. Ийсаның аты менен. Аўмийин. Қусты көриў Марка жазған Хош Хабар 10:46–52 БАРТИМЕЙ ИЙСАНЫҢ КӨМЕКЛЕСЕТУҒЫНЫНА ИСЕНДИ МЕ? ЯМАСА ОЛ ИЙСА МЕНЕН СӨЙЛЕСИЎГЕДЕ ҲӘРЕКЕТ ЕТПЕДИ МЕ? Бартимей үйинде отырғанды жақсы көрмейтуғын еди. Ол үйинен көшеге шыққанда, бетине самалдың есип турғанын сезди. Қустың сайрағанын еситти. Жаңадан жапқан нанның ийиси мурнына келди. Бирақ Бартимей ҳеш нәрсени көрмеди, көре алмас та еди, себеби ол соқыр болып туўылған еди. Күни бойы жол бойында отырып, садақа сорар еди. Қасынан өтип баратырған ҳәр бир адамға теңге сорап, қолын созар еди. Бартимей ушын бул күнделикли нан табыўдың жалғыз жолы болды. Өтип баратырғанлардың биреўлери аз берди. Басқалары көп берди. Ал айырымлары улыўма ҳеш нәрсе бермеди. Бир күни Бартимей әжайып хабар еситти. Ол Ийса ҳаққында еситти. Оған Ийса ҳәмме адамларды, ҳәтте, соқыр болып туўылған адамларды да емлейди деп айтқан еди. Бартимей мүмкин таң қалған шығар. Ийса деген ким? Ол көздиң нурын қайтарып бере ала ма? Бартимей, әдеттегидей жолда отыр еди. Бирақ бул күн оның ушын күндегидей болып көринбеди. Ол жолдың шетинде соқлығысып турған адамлардың сөзлерине қулақ салды. Олар Ийса туўралы айтысып атыр еди. Бүгин Ол усы жолдан өтер екен! Мине, енди сәлемлесиў бақырысқан даўыслар еситилди. Ийса туўры Бартимей отырған жерге қарай жүрди! Солай етип, Бартимей әҳмийетли таңлаў жасаўы керек еди. Ийса оны еситеди деп қатты қышқырыўына болар еди. Ийса оған жәрдемлеседи ҳәм оның көзин емлейди деп, — ол исениўине болар еди. Ямаса Бартимей бурынғысынша жол бойында қайырхомлық сорап отыра бериўине болар еди. Сол күни адамлар көп болды, көп пул жыйнаған болар еди. Оның үстине Бартимей Ийсаның шыны менен де емлейтуғынын билмеди. Бартимей не иследи? Ол бақырып: — Ийса! Маған реҳим етегөр! Бирақ топарласқан адамлар соқыр адамды қоршап, оны ҳеш ким алға жибергиси келмеди. Керисинше, оның менен турған адамлар оған бақыра бермеўин ескертти. Деген менен, Бартимей аўзын жумғысы келмеди ҳәм және бир рет қышқырды: — Ийса маған реҳим ет! Ийса тоқтады ҳәм бақырып атырған адамды алдына алып келиўди буйырды. Бар, Ийса, сени көрмекши, — деди Бартимейге кимдур. Қандай бахыт! Соқыр адам аяғынан шапшып турып адамлар арасынан өтти. Ол Ийсаның алдына барғанын билмей қалды. Ийса Бартимейден сорады: — Сен нени қәлейсең? — Көзимниң көриўин қәлеймен. Ийса күлди. — Сен Мени емлей алады деп исендиң. Мен саған көзиңниң нурын қайтып беремен. Бартимей әсте көзин ашты. О, ол көрип баслады! Мүмкин, Бартимейдиң биринши көргени Ийсаның күлкиси шығар! Соңынан ол қусты, аспанды, аспанда жүзип баратырған жолды көрди. Ол топарласып турған ҳәр бир адамға қарады. Бартимей Ийсаның изинен барды. Ол сондай қуўанғанлықтан Ийсаны шақырды. Ол енди қайда баратырғанын көретуғын болды! Бартимейдиң Оған емлеўши күшине исенгенине Ийса да қуўанышлы болды. Еске түсирейик Бартимей Ийсадан не ҳаққында илтимас қылмақшы болды? Бартимей дурыс таңлаў жасады ма ямаса надурыс па? Ийса Бартимейге жəрдем берди ме? Бул шыпа кимге қуўаныш алып келди? Өз шешимиң үстинде ойлан Сен Ийсадан өзиң ушын ҳəм достың ушын нени илтимас еткиң келеди? Ийса ҳəмме ўақыт адамларға жəрдем береди, бирақ ҳəр қыйлы түрде. Ол буны қандай түрде ислейди? Сен көзи ҳəлсиз ҳəм еситпейтуғын, жəне жатаққа жатқан адамларға не ислей аласаң? Дурыс таңлаўды үйрен Күнине бир неше рет сигнал беретуғындай етип, таймерди орналастыр. Ҳəр сапар таймер сигнал бергенде, сен көре алатуғыныңа (еситетуғыныңа, ҳəм жүре алатуғыныңа) Қудайға миннетдаршылық билдир. Өзлеримиздиң ден-саўлығымызға ғамхорлық етиўимизде Ийса бизлерге жәрдем береди деп, Қудайға тапсырсақ болады. Дуўа етейик Жаратқан Ийем, бизлер көре алатуғынымыз ушын, еситетуғынымыз ушын ҳəм Сениң берип атырған ҳəмме нəрсең ушын Саған миннетдармыз! Өзлеримиздиң ден-саўлығымыз ҳаққында ғамхорлық етиўимизге жəрдем берегөр. Ийсаның аты менен Аўмийин. «Мениң менен бирге отыр!» Лука жазған Хош Хабар 10:38–42 МӘРИЯМ ИЙСАНЫ ТЫҢЛАДЫ МА? ЯМАСА ОЛ ӨЗИНИҢ ЖУМЫСЛАРЫ МЕНЕН БӘНТ БОЛДЫ МА? Бифания деген кишкене қалада ҳаяллардың ҳәммеси қандай да бир жумыслар менен бәнт еди: биреўлери қудықтан суў тасыды, басқалары нан жабыў ушын дән жегизди. Бир кишкене үйде жасайтуғын апалы сиңлилер де жумыслар менен бәнт болды. Бирақ Мәриям ҳәм Марта кир жуўды, нан писирди, үйлерин тәртипке келтирди, өйткени олар Достысы Ийсаның келиўине таярланды! Тез арада үйде ҳәмме нәрсе тәртипке келтирилип, тазалықтан жарқырап турды ҳәм қазанда аўқат писип турды. Мине, Ийса Мәриям ҳәм Мартаға келди. Олар Ийсаның ең жақын дослары еди ҳәм сонлықтан Ийса олардың үйинде мийманда болғанды жақсы көретуғын еди. Ийса отырып, Қудайдың сүйиспеншилиги ҳаққында айтып баслады. Марта усы ўақытта өзи ислеўи керек болған жумыслар ҳаққында ойланды. Мүмкин, оған аўқатын писирип таслаў керек болған шығар. Соңынан аўқатларды ыдысларға салып, қырмаларды толтырыўы керек еди. Ийса жолдан келгенликтен суў ишкиси келеди. Яқ, ол бир өзи ислей алмайды, Мәриямның оған жәрдеми керек. Мәриям әҳмийетли таңлаў жасаўы керек еди. Қудайдың сүйиспеншилиги ҳаққында Ийса не айтып атырғанын ол отырып тыңлаўына болар еди. Ол жүдә жақсы Устаз еди ҳәм Мәриям Оны тыңлағанды жақсы көрер еди. Ямаса ол әжапасы менен бирге үй машқалалары менен айланысып жүре бериўине болар еди. Ондай болғанда, Ийса оны қашан босайды деп күтиўине туўра келер еди. Мәриям не иследи? Оның ҳәр бир сөзин еситиў ушын, Ийсаға жақын отырды. Ийса усындай дыққат пенен тыңлаўшыны көрип күлди. Бирақ Мартаның күлиўге де ўақты болмады. Ол Ийсаға: — Мениң жумысым көп. Мәриямға айт маған жәрдем берсин, — деди. Ийса оған былай деп жуўап берди: — Марта, Марта қапа болма. Мәриям Қудайдың сүйиспеншилиги ҳаққында еситиўди қәлейди. Бул нәрсе ең әҳмийетлиси. Ийсада болса усы еки апалы сиңлилерге айтатуғын әңгимеси көп еди, бирақ Ол олардың үйинде көп қала алмады. Ийса Мартаның да Оның қасында отырып, Қудайдың сүйиспеншилиги ҳаққында еситиўин қатты қәледи! Еске түсирейик Марта ҳəм Мəриям қандай жумыслар менен бəнт болды? Ийса олардың үйине келгенде не иследи? Марта Мəриямнан қандай жəрдем күтти? Мəриям дурыс таңлаў жасады ма ямаса надурыс па? Өз шешимиң үстинде ойлан Сен өзиңди дыққатлы тыңлаўшы деп айта аласаң ба? Сен қалай жəне де дыққатлы бола аласаң? Қудайдың сүйиспеншилиги хаққында қалай билиўге бола алатуғынын айтып бер. (Биреўдиң Мухаддес китап ўақыяларын оқып атырғанын тыңлаў; Мухаддес китап темалары хаққында фильм ямаса телевизионлы программа көриў; Ийса хаққында қосықлардың сөзлерин тыңлаў ҳəм т. б.) Дурыс таңлаўды үйрен Қудай хаққында сөлеўди жақсы көретуғын адамды таўып, оннан Қудайдың сүйиспеншилиги хаққында айтып бериўин илтимас ет. Бул сениң əкең, анаң, атаң, кемпир апаң, шопаның ямаса екшемби мектебиниң мүғаллими болыўы мүмкин. Оларды дыққат пенен тыңлаўға ҳəрекет ет. Қудайдың сүйиспеншилиги туўралы айтып атырған адамды ким тыңласа, сол адамды Қудай унатады. Дуўа етейик Жаратқан Ийем, кимдур Сен туўралы ҳəм Сениң Улың туўралы айтып атырған болса, сол адамды дыққат пенен тыңлаўымызға жəрдем етегөр. Аўмийин. Теректе Лука жазған Хош Хабар 19:1–10 ЗАҚАЙ ИЙСАНЫҢ АЛДЫНДА ӨЗИНИҢ КЕМШИЛИКЛЕРИН МОЙЫНЛАП, ИСЛЕГЕН ИСЛЕРИНЕ ӨКИНДИ МЕ? ЯМАСА ОЛ НАДУРЫС ИСЛЕЎИН ДАЎАМ ЕТТИ МЕ? Онша үлкен емес қалада Зақай атлы бир бай адам жасапты. Байлығына қарамастан, ол жүдә бахытсыз адам болыпты. Адамлардан салықты нызамда көрсетилгенинен артық жыйнап, адамларды алдаў жолы менен байлық жыйнаған еди. Артық ақшалар оның қалтасында қалар еди. Зақай адамлардың қалтасынан соңғы ақшаларын тартып алғанлықтан, оны ҳәмме жаман көрди, сонлықтан оның дослары болмады. Ол жалғыз еди. Бир күни Зақай оның қаласына Ийсаның келгенин билди. Мүмкин, дәслебинде ол бул хабарға дыққатын аўдармаған шығар. Оның ден-саўлығы күшли, көзи көретуғын еди, сонлықтан ол Ийсаның жәрдемине мүтәж болмады. Бирақ Зақай Ийса ҳәр бир адамның Достысы болыўды қәлейтуғынын еситкенде, ол ойланып қалды. Зақай Ийса жүретуғын жолдың бойына шығып турды. Бирақ қаланың турғынлары да Ийсаны күтип алыўға шықты! Адамлар оғада көп жыйналғанлықтан Зақайға ҳеш нәрсе көринбеди, себеби бойы кишкене еди. Ол ҳәтте адамлардан алдыға өткериўин де сорай алмады, себеби оны ҳәмме жаман көретуғын еди. Мине, сонда Зақайдың ойына жақсы пикир келди. Ийса өтетуғын көшедеги өсип турған теректиң төбесине шығыўды ойлады. Зақай тап солай иследи. Ол қалың жапырақ пенен қапланған теректиң төбесине шықты. Енди ол ҳәммени көрди, ал оны ҳеш ким сезбеди! Ийса барған сайын жақынлап келе берди. Зақай Ийсаның жүдә жақсы адам екенин көрди. Бирақ Ийса алдаўшы адамға дос болыўды қәлей ме? Ийса жүрип келеберди, келеберди ҳәм күтпегенде... Ол тап Зақай отырған теректиң астына барып тоқтап қалды! Ол жоқарыға қарап, шақалардың арасында отырған Зақайды көрип оған былай деди: — Төменге түс. Бүгин Мен сениң үйиңе бараман. Зақайға буған исениў қыйын болды. Оның үйине тек достысы бара алатуғын еди. Демек, Ийса оның достысы болыўды қәлейди. Бирақ, Зақай жаман жол менен тапқан байлықларын не қылады? Солай етип, Зақай дурыс таңлаў жасаўы керек еди. Ол теректен түсип Ийсаны өзиниң үйине алып барыўына болар еди. Ол Ийса менен дос болып қалыўына болар еди. Ямаса Зақай Ийсаның кетиўин күтип турыўына болар еди. Соңынан жалғызлықта өзиниң бай ҳәм сулыў үйине қайтып келиўине болар еди. Зақай не иследи? Ол шаққан тыйынға уқсап теректен түсип, Ийсаны өзиниң үйине алып барды. Сол жерде олар сөйлесип баслады. Ийсаның қасында отырып, Зақай өзиниң алдап тапқан байлықлары ушын уялғанынан былай деди: — Мен байлығымның жартысын жарлыларға беремен. Салықтан жүда көп жеген адамларыма, оларға төрт есе артығы менен қайтарып беремен. Ийса менен болған дослығы Зақай ушын, қайтарып бермекши болған ақшалардан да қәдирли еди. Зақай натуўры ис тутқанына қыйналғаны ушын, Ийса қуўанышлы болды. Зақай өзиниң қәтелерин туўрылағысы келгени ушын, Ийса қуўанышлы болды. Ийса Зақайға былай деди: — Мен сендей адамларды таўып, оларға жәрдем бириў ушын келдим. Енди, сен Қудайдың қутқарылған баласысаң. Еске түсирейик Зақай қандай жол менен байып кетти? Не ушын Зақай теректиң үстине өрмелеп алды? Ийса Зақайға не айтты? Зақай дурыс таңлаў жасады ма ямаса натуўры ма? Ийса Зақайдың үйине мийманға келгенде, ол қандай қылып өзгерип кетти? Өз шешимиң үстинде ойлан Ийса сениң менен де досласыўды қəлейди. Ол сениң қандай қəтелериңниң қайталанбаўында жəрдем береди? Дурыс таңлаўды үйрен Столдың астында отырып көр ҳəм ол жерде столдың аяғынан басқа ҳеш нəрсе көрмейтуғыныңа исен. Соңынан отырғыштың үстине минип дөгерекке Зақайдың теректе отырып қарағанындай етип қарап көр. Түслик ўақтында столға артықша ас жеў ушын қасық, ыдыс қой ҳəм Ийса сениң менен бирге отырғанын көз алдыңа келтирип көр ҳəм Оның менен сөйлес (Шыны менен де Ол сениң менен бирге екенин билесең!) Бизлерде ҳәмме ўақыт қәтемизди туўырлаўымыз ҳәм ҳеш қашан қайталамаўымыз ушын Ийсадан жәрдем сораўымызға мүмкиншилик бар. Дуўа етейик Жаратқан Ийем, Ийса бизлердиң ҳəр биримиздиң достымыз болыўын қəлейтуғынын мойынлағанымызда қаншелли қуўанамыз. Мен мына нəрселер ушын өкинемен: ___________ ал, енди болса дурыс ис ислегим келеди. Ийсаның аты менен. Аўмийин. Ийса ушын саўға Лука жазўан Хош Хабар 7:36–50 ҲАЯЛ ИЙСА УШЫН ӨЗИНДЕГИ ЕҢ ЖАҚСЫ НӘРСЕСИН САЎҒА ЕТТИ МЕ? ЯМАСА ОНЫ ӨЗИНЕ АЛЫП ҚАЛДЫ МА? Ийса әдеттегидей Өзиниң дослары менен түслик етер еди. Олар сөйлесип, күлисип ҳәм бирге дем алар еди. Бир күни Симон атлы бай адам Ийсаны үйине түсликке мирәт етти. Симон үйине көп адам шақырды. Бирақ бир ҳаял шақырылмаған болса керек. Ол ҳаял өзи уялатуғын нәрсени ислейтуғын еди. Ҳәмме оның қалай жасайтуғынын билер еди ҳәм оны адамлар жаман көрди. Бирақ бул ҳаял Ийсаның Қудайдың сүйиспеншилиги ҳаққында айтқанын еситкен еди. Ол Ийсаның оны жақсы көретуғынына исенди. Соның ушын, ол Ийсаға өзиндеги ең жақсы нәрсесин — хош ийисли майы бар гүзесин саўғаға алып келгиси келди. Ол Ийсаның көп жүретуғынын билер еди ҳәм әлбетте жүрген ўақытында аяқ кийими Оның аяғын ғайзар еди. Ол ҳаялдың беретуғын майы аяқтағы шаршағанды алар еди. Солай етип, ҳаял әҳмийетли таңлаў жасаўы керек еди. Ол Ийсаның аяғына май қуйыўына болар еди. Бул Қудайдың сүйиспеншилиги ҳаққындағы Ийсаның айтқан хабары ҳәм Оның қайырхомлығы ушын миннетдаршылық белгиси еди. Ямаса ол ҳаял хош ийисли майы бар гүзени өзине қалдырыўына да болар еди. Мүмкин, Ийса ол ҳаялдың Өзине жақынлағанын жаман көретуғын шығар. Мүмкин, оны улыўма жақсы көрмейтуғын шығар. Бул ҳаял не иследи? Дәслебинде ол хош ийисли майын Ийсаның аяғына төкти, ал соңынан узын шашы менен Оның аяғын сыпырды. Хош ийисли майдың ийиси бөлмениң ишин алып кеткенде, қонақлардың көбиси жан-жаққа қарасып, сол ҳаялды көрди. Үй ийеси де шақырылмаған қонақты көрип қалды. Оған бул ҳаялдың өмири таныс еди, соның ушын, ол Ийсаға оның гүналары туўралы айтып берди. Ийса Симонға жуўап берип: — Сен Мени үйиңе шақырып отырып, Маған ҳештеңе ислемедиң. Сен Мениң аяғымды жуўмадың, ҳәтте Мениң менен сәлемлеспедиң. Ал бул ҳаял өзиниң Маған деген үлкен сүйиспеншилигин жасырған жоқ. Соң Ийса гүнакар ҳаялға қарады. Ол да Ийсаның көзине қарады. Оның көзинде ҳаялға деген шексиз сүйиспеншилиги бар еди. Аўа, Ийса Өзиниң алдында отырған ҳаял көп гүнә ислегенин билер еди. Және, Ол бул ҳаялдың өз өмирин өзгерткиси келетуғынын билер еди. Ол ҳаял Қудайдың сүйиспеншилиги ҳәм кеширим ҳаққында еситкиси келер еди. Ҳаял жылап алды. Бул қайғы ҳәм қуўаныш көз жаслары еди. Ийса оны түсингенинен ҳаял бахытлы еди. Ийса оны жақсы көретуғынынан ол қатты бахытлы еди. Ийса оған былай деп қарады: — Сениң гүналарың кешириледи. Маған исендиң ҳәм енди сен Қудайдың қутқарылған баласы боласаң. Тынышлық пенен кете бер. Ол ҳаял Ийсаға өзиндеги ең жақсы нәрсесин саўға еткенине қуўанышлы болды! Ийса да оның гүналарын кеширгени ушын бахытлы болды. Еске түсирейик Ҳаял не ушын хош ийисли майын Ийсаның аяғына қуйыўды қəледи? Ол дурыс таңлаў жасады ма ямаса надурыс па? Ҳаял өзиндеги бар ең жақсы нəрсесин Ийсаға саўғаға бергеннен кейин, Ол қандай сөз сөйледи? Өз шешимиң үстинде ойлан Саўғаға берген сыйларыңның ишиндеги ең əпиўайы емеси қайсысы болды? Не ушын сен оны саўға еткиң келген еди? Сен Ийсаға саўға ислеўиңе болады. Басқаға саўға етиў арқалы Маған саўға берген боласызлар, — дейди Ийса. Сен Ийсаға Сени жақсы көремен деп өзиңниң жаман əдетлериңди мойынлап, Оннан кеширим сорасаң, Ол сениң айтқанларыңның ҳəммесин саўға ретинде қабыл алады. Дурыс таңлаўды үйрен Қағазға гүзениң сүўретин сал ҳəм еки тамшы əтир суўын тамыз. Соң өзиңниң салған сүўретиңди биреўге саўғаға бер, ол адам сениң Ийсаны қатты жақсы көретуғыныңды билсин. Биреўге саўға берсек — бул Ийсаны жақсы көретуғынымызды көрсетиўдиң ең жақсы усылы болады. Дуўа етейик Ийса, бизлер Сени жақсы көремиз. Дурыс ислеў арқалы Саған сүйиспеншилигимизди көрсетиўимизге жəрдем бергейсең. Ийсаның аты менен. Аўмийин. Ерусалимге Матта жазған Хош Хабар 21:1-11, 14–16; Лука жазған Хош Хабар 19:29–40 ИЙСАҒА ШӘКИРТЛЕРИ ЕШЕК АЛЫП КЕЛДИ МЕ? ЯМАСА ОЛАР УСТАЗЫНЫҢ ЕРУСАЛИМГЕ БАРМАҒАНЫ ЖАҚСЫ ДЕП ШЕШТИ МЕ? Ийса Ерусалимге жақын жердеги төбешикте тоқтады. Үш жыл ишинде Ол елдиң дерлик ҳәмме жерин аралап шықты. Ол қайда бармасын сол жерге ҳалықтың үлкен топары жыйналатуғын еди. Адамлар оларды Қудай жақсы көретуғынлығын еситкиси келер еди. Ким аўырған болса, Ийсадан шыпа алғысы келди. Ким жаўызлық ислер ислеген болса, Ийсадан кеширим алғысы келди. Көпшиликке Ийсаның сөзи ҳәм иси унады. Айырым адамлар оны өзлериниң патшасы еткиси келди. Деген менен, Ерусалимде көплеген нызамшылар Оны жақсы көрмеди. Олар Ийса патшалық ететуғын болса, ҳүкимдарлығымыздан айырылып қаламыз деп қорықты. Соның ушын олар Ийсаны ҳәр қыйлы сораўлар менен жаңылыстырмақшы болды. Бирақ Ийса қандай етип дурыс жуўап бериўди билди. Олар Ийсаны нызам бузыўшылықта айыпламақшы болды, бирақ Ийса ҳәмме ўақыт дурыс ҳәрекет етти. Ең соңында олар Ерусалимге қайтып, Ийсаның келиўин күтти, ондағы мақсети қәлеген жол менен болсада Ийсаны жоқ етиў ушын бир нәрселерди жобаластырды. Ийса тез арада Өзиниң өмиринде қайғылы ўақыя жүз беретуғынын билер еди. Және де, Ийса Оған Ерусалимге баратуғын ўақыт болғанын билер еди. Соның ушын, Ийса Ерусалимге онша узақ емес жерде тоқтап, Өзиниң еки шәкиртине былай деди: — Мен сизлердиң Ерусалимге узақ емес аўылға барып, ол жерден жас ешекти табыўыңызды қәлер едим. Ол ешектиң қасында адам минбеген гүрре болады. Оны Маған алып келиң. Егер сизлерден оны не қыласыз, — деп сораса, онда бул гүрре сизлердиң Устазыңызға керек деп айтыңлар. Солай етип, шәкиртлери әҳмийетли таңлаў жасаўы керек еди. Олар аўылларға барып усы ешек пенен гүррени излестирип Ийсаға, Оның қәлеген ешегин алып келиўине болар еди. Ямаса сол ешекти излеп таба алмадық деп түр билдириўине болар еди. Олар Ийсаны иркип, Оның Ерусалимге кириўине жол қоймаўына ҳәрекет етиўине болар еди. Ақыры аяғында қала қәўипли еди. Ийсаның шәкиртлери не иследи? Олар аўылларға барып кишкене ешеги бар ешекти изледи. Олар ешектиң ийесине былай деди: — Ол Жаратқан Ийемизге керек. Соң шәкиртлери гүррени Ийсаға алып келди. Устазының отырыўы қолайлы болсын деп, олар гүррениң арқасына кийимлерин таслады. Бийик төбешиктен гүрре менен түскен Ийса, Ерусалим дәрўазасының алдына келди. Адамлар Оны: — Ҳосанна! Ийса — бизиң Патша! — деп қуўанышлы бақырысқан даўыслар менен күтип алды. Адамлар өзлериниң кийимлерин жолға төсеп, пальма ағашларының шақаларын былғаў менен күтип алды. Ийса халықтың жайнап жаснап атырғанын көргенине қуўанышлы болды. Ийса қалаға киргенде, Ол аўырыўларды емлей баслады. Шаўқымласқан халықтың даўысларының арасынан Ийса балалардың даўысларын ажырата алды. Бирақ бирден Ийсаның жүзинде қапашылық пайда болды. Ол бирден Өзин жаман көретуғын нызам муғаллимлерин көрди. Жақында олар менен жүзбе-жүз ушырасатуғынын билер еди. Бирақ бул жақсы нәрсе еди, себеби Ол усы нәрсе ушын жерге келген еди. Еске түсирейик Ийса қайсы қалаға жақынлады? Ол Өзиниң шəкиртлеринен нени өтиниш етти? Шəкиртлери дурыс таңлаў жасады ма ямаса надурыс па? Халық Ийсаны қалай күтип алды? Не ушын Ийса қапа болды? Өз шешимиң үстинде ойлан Мəнисин түсинбеген тапсырманы орынлаған ўақытларың болдыма? Дурыс ямаса надурыс ислеп атырғаныңды қалай биле аласаң? (Егер, сен Қудайдың кеўилин табыўға ҳəрекет етип атырған болсаң, онда сен дурыс ислеп атырсаң, мысалы, жақсы ис ислесең, исеним көрсетсең, ата-анаңа ҳəм муғаллимлериңе қулақ салсаң ҳəм т. б.) Дурыс таңлаўды үйрен Ийсаның шəкиртлериниң биримен деп көз алдыңа келтир. Сен гүррени таўып алып келиўиң керек, оның арқасына шапаныңды таслап, соң пальма ағашларының шақаларын былғап ҳəмме менен бирге Ийсаны күтип алыўың керек. Айырым адамлар Оны жақсы көрмеседе, не ушын Ийса сол қалаға барғысы келди деген түсинбеўшилигиңди жүзиңде көрсет. Бизлер Қудайдың буйрығын орынлаўымыз керек, ҳәттеки Oның не ушын бизлердиң ислеўимизди қәлейтуғынын билмесек те. Дуўа етейик Жаратқан Ийем, ҳəтте бизлерге ҳəммеси түсиниксиз болса да, бизлер дурыс ҳəрекет еткимиз келеди. Ийсаның атынан өтинемиз бизлерге жəрдем етегөр. Ийсаның атынан. Аўмийин. Тек ғана еки тийин Лука жазған Хош Хабар 21:1–4 ЖАРЛЫ ҲАЯЛ ӨЗИНИҢ АҚШАСЫН ҚУДАЙДЫҢ ИСИНЕ БЕРДИ МЕ? ЯМАСА ОЛ ӨЗИНЕ ҚАЛДЫРДЫ МА? Ибадатханада турып Ийса келип атырған адамларға нәзер салып турды. Олардың арасында ғаррылар да, жаслар да болды. Ҳасыл кийимлер кийген, қолларында қымбат баҳалы жүзиклери бар байлар да болды. Гөне кийимлер кийген, ҳеш қандай қолларында безеўлери жоқ жарлылар да болды. Бирақ ибадатханаға ким келседе, Қудайды алғыслады. Ибадатханаға келген адамлар, сондай-ақ Қудайдың иси ушын қурбанлық бериў ушын өзлериниң лепталарын[1] алып келди. Сол күни Ийса усы жерден онша алыс емес жерде турды, Оның менен бирге шәкиртлери де бар еди. Мине, олар бир неше жақсы кийинген бай адамлардың қурбанлық қутысына жақынлап келгенин көрди. Олар шыжланларын ашып бир неше тийин алып, қутыға салды. Бирақ шыжланларының ишинде оларда еле көп тийинлар қалған еди. Олар өзлериниң тийинларын салып атырып, дөгерекке қарады, мүмкин, кимдур олардың салып атырғанын көрсин деп, адамлардың дыққатын күткен шығар. Соңынан барып олар гүзеге: бир, еки, үш, төрт, бес, алты, жети, сегиз, тоғыз, он тийинды таслады. Ҳәмме усындай сақыйлық пенен берилген қурбанлықты көргенде, күлиўи сөзсиз. Байлар да күлди. Олардың шыжланында тийинлар көп еди. Соның ушын, бундай қурбанлық байларға аўырманлық болмады. Соңынан Ийса ҳәм Оның шәкиртлери тозған кийим кийген жарлы ҳаялдың ибадатханаға кирип келгенин көрди. Ол шыжланының ишине қарап: бир, еки деп тийинларын санай баслады. Барлығы болып оның еки лептасы бар екен. Солай етип, жарлы ҳаял әҳмийетли таңлаў жасаўы керек еди. Ол еки тийинын Қудайдың ислери ушын қурбанлық қутысына салыўына болар еди. Соңынан Қудай маған қарасады деп, Қудайға исениўине болар еди. Ямаса ол соңғы тийинларын шыжланының ишинде қалдырып, кейнинен өзи ушын жумсаса да болар еди. Мине, ол ҳаял не иследи. Ол қутыға барып, байлардың дөгерекке қарағанындай қарамады. Ол биреў маған дыққат аўдарсын деп күтип отырмады ҳәм еки тийинын қутыға таслап жиберди. Бирақ, бәри бир оған бир Адам қарап тур еди. Бул Ийса еди! Ол Өзиниң шәкиртлерине усы жарлы ҳаялдың Қудайға берген қурбанлығы туўралы айтып берди. Жарлы ҳаялдың салған кишкене қурбанлығы байлардың сақыйлық пенен салған қурбанлығынан әдеўир баҳалырақ, деди Ийса. Ийса неге булай айтты деп шәкиртлери аң-таң болды. Сонда Ол шәкиртлерине, бай адамлар өзлериниң ақшаларының азғантай бөлегин салды, ал жарлы ҳаял Қудайды сондай жақсы көргенликтен ол өзинде барын салды деп түсиндирип берди. Бул ҳаялдың Қудайдың иси ушын қурбанлық бергиси келген нийети Қудайға унады. Қудай әлбетте ол ҳаял ушын қайырхомлық етеди. Жарлы ҳаял да берген қурбанлығының Кудайдың исине кететуғынына қуўанды. Әлбетте, бул ҳаял өзиниң дурыс ислегенин билер еди ҳәм бул оны бахытлы етти. Еске түсирейик Ибадатханада гүзе не ушын қойылған еди? Не ушын бай адамлар оның ишине тийинларын таслап атырғанда күлди? Жарлы ҳаял еки тийин салғанда, онда не қалды? Жарлы ҳаял дурыс таңлаў жасады ма ямаса надурыс па? Не ушын оның бергени байлардың бергенинен көп болды? Өз шешимиң үстинде ойлан Өзиңниң жеке ақшаңа не сатып алғың келеди? Ақша тапқаныңда биринши гезекте Қудайдың иси ушын жиберемен деп өзиңе исенесен бе? Ақшадан басқа Қудай ушын жəне қандай сый бере аласаң? Дурыс таңлаўды үйрен Ойлан қандай жол менен өзиңниң жеке ақшаңды жыйнай аласаң, мысалы шарбақта қандай да бир жумысты ямаса үйде қандай да бир жумысты орынлаў арқалы табыўға бола ма. Соң тапқан барлық ақшаңды Қудайдың иси ушын — жəмəəтке, миссияға, қайырхомлық асхана, ҳ.т.б. ушын бериўге қарар ет. Усылай ислегенде өзиңди қалай сезесең? Қудайдың иси ушын бизлер барымызды берсек, Oл қатты унайды. Дуўа етейик Жаратқан Ийем, сақыйлық пенен қурбанлық етиўимизге бизлерге жəрдем берегөр, себеби Сеннен алғанымыз оғада көп! Ийсаның атынан. Аўмийин. Ким хызметкер болып есапланады? Лука жазған Хош Хабар 22:7–13; Юхан жазған Хош Хабар 13:1–17 ИЙСА АДАМЛАРҒА ХЫЗМЕТ ЕТТИ МЕ? ЯМАСА ОЛ АДАМЛАРДАН ОҒАН ХЫЗМЕТ ЕТИЎИН ТАЛАП ЕТТИ МЕ? Ийса бир ҳəпте толығы менен ибадатханада ямаса Ерусалим көшелеринде адамларға тəлим берди. Айырым адамлар Ийсаны өзлериниң Патшасы болғанын қəледи. Бирақ ҳəкимият басында отырғанлардың көбиси Ийсаны жаман көрди. Олар Ийсадан қутылыўдың жобаларын дүзди. Бир күни Ийса шəкиртлери болған Петр ҳəм Юханнан Өзине жайдың жоқарғы этажынан бөлме таярлаўды буйырды. Ол жерде Ийса шəкиртлери ушын айырықша кешки аўқат таярлатып, Өзи де олар менен бирге отырғысы келди. Бул кешки аўқат оларға Муўса ҳəм Қудайдың халқының Мысырдан шығыўын еслетти. Бул айырықша кешки аўқатта ҳəмме аўқатланып, өз-ара əңгимелеседи ҳəм Муўсаның тарийхы ҳаққында сөйлеседи. Кеште ҳəмме шəкиртлер бөлмеге жыйналды. Олар мүмкин қатты шаршап ҳəм аш болған болса керек. Сонлықтан олар дəрҳал аўқатқа қарады. Олар аўқат жеп атырғанда, Ийса аяқ жуўатуғын лəгенге ҳəм таза сүлгиге қарады. Соны айтып өтиўимиз керек, ол дəўирде адамлар сандал кийетуғын еди. Соның ушын шаң ҳəм патас жоллардан жүргенде, адамлардың аяқлары патас болып қалатуғын еди. Аяқларды жуўыў бул ҳеш қандай устаз ямаса мəмлекет басшыларының иси емес еди, ал бул хызметкердиң иси болып есапланатуғын еди. Ийса буны билер еди. Солай етип, Ол əҳмийетли таңлаў жасаўы керек еди. Ийса шəкиртлериниң аяқларын жуўып, оларға басқа адамлар ушын қалай хызмет етиўдиң үлгисин көрсетиўине болар еди. Ийса адамларға хызмет етиў ушын келгенлигин олар түсиниўи керек еди, сондай-ақ олардың да бир бирине хызмет етиўлерин Ийса қəлер еди. Ямаса Ийса аяқ жуўыў ўазыйпасы болған хызметкерлерге бөлмеде отырған ҳəр бир адамның аяқларын жуўың деп буйрық бериўине болар еди. Ол жəне де, шəкиртлерине адамларға қалай хызмет көрсетиў ҳаққында ҳəм мийримли хызметкерлер болыңлар деп те түсиндириўине болар еди. Ийса не иследи? Ол үсти кийимин ҳəм аяқ кийимин шешти. Соң Ол лəгенге суў толтырып, белине үлкен сүлгини орады. Өзиниң шəкиртлериниң бириниң алдына келип дизе бүгип, аяқларын жуўа баслады. Ийса бир шəкиртиниң аяқларын жуўып болып, басқасына өтип отырды. Ақыры Ийса Петрдың қасына келгенде, ол Устазына: — Яқ! Сен бундай патас жумысларды ислемеўиң керек, — деди. Ийса ушын бул жумыстың қандай əҳмийети бар екенлигин Петр түсинген жоқ. Ақыры, ол тек ғана өзиниң Устазының шəкирти. Бирақ, Ийса Петрге: — Егер сен Мениң жəрдемшим болғың келсе, онда Мениң саған жəрдем етиўим ушын мүмкиншилик бер. Сонда Петр қарсыласқанды қойды. Ийса ҳəмме шəкиртлериниң аяқларын жуўды, Ол жəне үсти кийимин кийип, шəкиртлериниң қасына отырды. Ол былай деди: — Мине, сизлер ҳəзир ғана басқа адамларға хызмет етиў дегенниң мəнисин көрдиңлер. Мен ҳəзир сизлердиң хызметкериңиздиң ролинде болдым. Сизлерге хызмет еткенимде, мəжбүрий түрдеги ўазыйпам ретинде емес, ал сизлерди жақсы көргенликтен хызмет еттим. Мен сизлерге не ислеген болсам, сизлерде соны ислең ҳəм бир бириңизге, жəне адамларға солай хызмет етиңлер. Қудай Ийсаның Өзиниң шəкиртлерине адамларға қалай хызмет етиўди көрсеткенине ыразы болды. Жəне де, Қудай Ийсаның шəкиртлери басқаларға хызмет етиў арқалы өзлериниң бахтын табатуғынын билди. Еске түсирейик Не ушын шəкиртлери кешки аўқат ўақытында айрықша аўқат жеди? Ийса Өзиниң шəкиртлерине хызмет етиў ушын не иследи? Ийса дурыс таңлаў жасады ма ямаса надурыс па? Не ушын Петр аяқларын Ийсаға жуўдырғысы келмеди? Оларға хызмет етиў арқалы Ийса шəкиртлерин неге үйретти? Өз таңлаўың үстинде ойлан Үйиңде, мектепте ҳəм жəмəəтте қандай ўазыйпаларды ислейсең? Биреўлердиң патас жумысларына жəрдем бере аласаң ба? Сен басқа адамларға хызмет көрсеткениңде өзиңди ким менен салыстыра аласаң? Дурыс таңлаўды үйрен Сол ески дəўирлердеги адамлардың аяқларындай бизлердиң аяқларымыз патас ҳəм шаңлар менен қапланбайтуғын шығар. Бирақ, қолларымыз тез-тез патасланады. Үйиңдегилерден бир бириниң қолларын гезеклесип жуўыўды өтиниш ет. Басқа биреўге хызмет етиў ҳəр бир адамды бахытлы етеди Дуўа етейик Жаратқан Ийем, Сениң бизлерге көрсеткен ҳəр бир жəрдемиңе миннетдармыз. Адамларға қалай етип жақсы хызмет етиўимизди ҳəм жəрдем бериўимизди бизлерге көрсет. Ийсаның атынан. Аўмийин. «Ояныңлар!» Марка жазған Хош Хабар 14:26, 32–42 ГЕТСЕМАН БАҒЫНДА ИЙСАНЫҢ ШƏКИРТЛЕРИ ОҒАН САДЫҚ БОЛЫП ҚАЛДЫ МА? ЯМАСА ОЛАР ИЙСА УШЫН ДУЎА ЕТИЎДИҢ ОРНЫНА УЙЫҚЛАП ҚАЛДЫ МА? Кешки аўқаттан кейин Ийса ҳəм Оның шəкиртлери бирге қосық айтты. Соңынан жайдың жоқарсындағы бөлмеден шығып, Гетсеман бағына кетти. Усы тыныш жерде Ийса дуўа еткиси келди. Ол алдында аўыр сынаў күтип турғанын билер еди. Ол усылар ҳаққында Қудай менен сөйлесиўди ҳəм Оның ең жақсы дослары Оны қоллап-қуўатлағанын қəледи. Гетсеман жолында кетип баратырып, Ийса шəкиртлерине бир неше рет Оны не күтип турғанын ескертти. Бирақ, олар исенген жоқ, олардың Устазына ким жаманлық ислей алады? Олар буған жол қоймайды! Ийса бағдың қасында шəкиртлерин қалдырып кетти ҳəм Өзи менен бирге ең садық үш достысын — Петр, Яқып ҳəм Юханды алып жүрди. Ийса оларға былай деди: — Жүрегим қайғыға толып тур. Сизлер усы жерде қалың, Мен бағдың терең ишине кирип дуўа еткенимде уйықламаң. Шəкиртлери уйықламай ояў отырыўдың қаншелли əҳмийетли екенлигин билиўи керек еди. Ийса бағда дуўа етип атырғанда, олардың да дуўа етиўи əҳмийетли еди. Солай етип, шəкиртлери əҳмийетли таңлаў жасаўы керек еди. Олар Ийсаның өтинишин орынлап, уйқы менен гүресиўине болар еди. Жақында қандай қайғылы ўақыя жүз беретуғынын билмеседе, олар дуўа етиўине болар еди. Ямаса Ийсаның шəкиртлери өзлериниң қəлеўлерине жол берип уйықлаўына болар еди. Оның үстине олар жақында ғана аўқатланған еди ҳəм түн де еле узақ еди. Шыны менен де олардың Устазына не болар еди? Тез арада Ийсаның шəкиртлериниң ҳəммесин ҳəтте Оның ең жақсы үш достысын да уйқы басты. Олар уйықлап атырғанда Ийса Қудай менен, Өзиниң Аспандағы Əкеси менен сөйлести. Ол Əкесине былай деп жалбарынды: — Егер мүмкин болса, алдымдағы Мени күтип турған қайғы қəсиреттен қутқар. Мен олардан қашып қутылғым келеди, бирақ Сен Маған не тапсырсаң еркиңди орынлайман. Ийса шəкиртлерине еки рет жанына келгенде, екеўинде де олар уйықлап атырған болып шықты. — Сизлер уйықлап атырсызлар ма? — деп сорады Ийса олардан. Шыны менен де сизлер уйықламай, дуўа етип отыра алмайсызлар ма? Ийса оларға үшинши рет келгенде, таң атыўға еле ерте болса да олар оянған еди. Олар бағдың ишинде Ийсаны излеп жүрген топарласқан адамларды көрди. Ол кисилер қолларына шыра, өткир қылыш ҳəм узын найза услаған еди. Топарласқан адамлар Ийсаның шəкиртлериниң қасынан өткенде, олардың уйқылары биротала қашып кетти. Бул узақ уйқысыз түнниң басланыўы еди. Шəкиртлердиң уйықлап қалғанына ҳəм дуўа етпегенине Қудай қапа болды. Қудай олардың Улының өтинишин орынлағанын қəлеген еди. Шыра көтерген адамлар Ийсаны алып кеткен ўақытта да бəри бир Қудай Ийсаның жəрдемшиси болды. Əлбетте, сол түни Қудай Ийса менен бирге еди. Еске түсирейик Ийсаның шəкиртлери кешки аўқаттан кейин қайда жол алды? Ийса олардан нени күткен еди? Ийса менен бағдың ишине ким барды? Ийса Өзиниң үш шəкиртинен нени өтиниш етти? Шəкиртлери дурыс таңлаў жасады ма ямаса надурыс па? Өз таңлаўың үстинде ойлан Егер саған жəрдем керек болса сен кимге сүйене аласаң? Басқалар саған исене ала ма? Ийса сениң жəрдемиңе сүйенсе сен Ийсаның өтинишин орынлай аласаң ба? Дурыс таңлаўды үйрен Ийсаға арнаған жумысларыңның дизимин жазыўыңа саған көмеклесиўди Ийсадан сора. Дизим бойынша бир ҳəптеде мөлшерлеген жумысларыңды орынлаўға ҳəрекет ет. Мүмкин, сен Ийсаға Оны қатты жақсы көретуғыныңды айтарсаң. Мүмкин, сен Оның досларына қандай да бир жақсы нəрсе ислерсең. Кешки уйқыға кетпесиңнен алдын, ертең ислейтуғын нəрселериң ҳаққында ойлан! Бизлерден Ийса нени күткен болса, соны ислеўден шаршамаўымыз керек. Дуўа етейик Жаратқан Ийем, Ийса бизлерге нени тапсырған болса сол жумысты таслап кетпеўимизге жəрдем етегөр. Ийсаның атынан. Аўмийин. «Оттың əтирапында» Лука жазған хош Хабар 22:54–62; Юхан жазған Хош Хабар 13:37–38; 18:10–11, 15–18, 25–27 ПЕТРҒА ИЙСАНЫҢ ДОСТЫСЫ ЕКЕНЛИГИН МОЙЫНЛАЎҒА БАТЫРЛЫҚ ЖЕТИСТИ МЕ? ЯМАСА ОЛ ОНЫ ТАНЫМАЙМАН ДЕГЕН ТҮР БИЛДИРДИ МЕ? Петр Ийсаның шəкиртлериниң бири еди ҳəм ол Ийсаны қатты жақсы көрди ҳəм Оны дыққат пенен тыңлады. Ийса Петрдың Оны жақсы көретуғынын ҳəм оның батыл емеслигин де билер еди. Шəкиртлери менен айрықша кешки аўқат болған сол күни, аўқатланып болып, Ийса Петрды былай деп ескертип қойған еди: — Қораз шақырмастан бурын сен Меннен үш рет танасаң. Устаздың сөзине ҳайран болған Петр: — Яқ! Мен ҳеш қашан бундай қылмайман! — деп қышқырып жиберди. Петр өзин мəрт деп есаплар еди, ол ҳеш қашан өзимниң жақсы Достымынан бас тартпайман деп исенер еди. Гетсеман бағында шыралар, қылышлар ҳəм найзалар менен адамлар пайда болғанда, Петр өзиниң мəртлигин көрсетемен деп, қылышты алып солардың биреўин өлтириўге урынды. Бирақ Ийса оннан буны күтпеди. Шəкиртлери бағдан кеткеннен кейин бир қанша ўақыт өткен соң, Петр Ийсаны излеп баслады. Соның ушын, ол Устаз турған үйдиң шарбағына жол алды. Түн салқын болды, шарбақта от жанып турған еди. Жанып турған отқа адамлар жылынып, тыныш ғана бир нəрселерди сөйлести. Петр оларға жақынлады. Бирден шоры қыз оған: — Сен Ийсаның шəкирти емессең бе? — деп сорады. Солай етип, Петр əҳмийетли таңлаў жасаўы керек еди. Ол шоры қызға ҳəм оттың дөгерегинде жыйналған барлық адамларға ол шыны менен де Ийсаның шəкирти екенлигин айтыўына болар еди. Бирақ ондай жағдайда онда қолайсыз жағдайлар жүз береди. Олардың ишинен биреўи оны өлтириўге ҳəрекет етиўи де мүмкин еди. Ямаса Петр мен Ийсаны танымайман деп айтыўына да болар еди. Ондай жағдайда ол қəўипсиз болар еди. Оның үстине Ийса Петрдың алдағанын мүмкин ҳеш қашан билмеген болар еди. Мине, соңында не болды. Петр қорқып кетти ҳəм соның ушын ол өтирик сойледи. Шоры қызға: — Мен Оның шəкирти емеспен, — деп жуўап берди. Петр оттың қасында жылыныўын даўам етти. Бир адам оннан: — Сен Ийсаның шəкирти емессең бе? — деп сорады. Бирақ Петр жəне: — Яқ. Мен Оның шəкирти емеспен, — деп жуўап берди. Усыннан кейин жəне бир адам аңлап былай деди: — Мен сени Ийса менен көргеним анық. Петр үшини рет: — Яқ! Мен Оны дым танымайман, — деп жуўап берди. Тап сол ўақытта қораз шақырды. Сонда Петр Ийсаның айтқан сөзин есине түсирди. Ҳəммеси Устаздың айтқанындай болып шықты. Петр Ийсадан үш рет бас тартты. Kейин Ийса Петрдиң көзине қарағанда, ол Оның көзине қарай алмады. Петр ҳеш қашан өзин бундай жаман сезбеген еди. Ол өзиниң бетин шапаны менен жаўып, жуўырып кетти ҳəм Устазынан алыста көз жаслары көл болып жылады. Ийсаға да аўыр болды, бирақ Ийса бир күни Петр менен сөйлесип алатуғынын ҳəм сонда Ол Петрди бурынғысынша жақсы көретуғынын, Петрдиң билип алатуғынын алдынан билер еди. Петр нағыз мəрт адам болыўды үйренеди. Еске түсирейик Ийсаның айтыўы бойынша үш рет қораз шақырмасынан бурын Петр не ислеўи керек еди? Петр Ийсадан неше рет бас тартты? Петр дурыс таңлаў жасады ма ямаса надурыс па? Петр Ийсадан бас тартқанда не сезди? Ийса не сезди? Өз таңлаўың үстинде ойлан Егер сен өзиңди Ийсаның достысыман деп айтқаныңда сениң үстиңнен адамлар күлсе, сен өзиңди қалай сезесең? Ийсадан ҳақыйқатлықты жасырмаў ушын жəрдем сорайсаң ба? Дурыс таңлаўды үйрен Қараңғы түскенде үйдеги светти өширип, қалтаға салып жүретуғын фонарикти жақ. Соң светтиң жарығында бармақларыңды қыймылдат. Бул жалынның қыймылдап турған тилине уқсайды. Илайым бул «жалын» саған Петрдың ислегениндей етип ислемеўди есиңе салып турсын. Петрдың қəтесин қайталамаўға ҳəрекет ет. Бизлер өзлеримиздиң Ийсаның достысы екенимизди адамларға айтыўдан қорқпаўымыз керек. Дуўа етейик Жаратқан Ийем, бизлердиң кемшиликлеримизге қарамастан Сен бизлерди жақсы көретуғының ушын Саған миннетдармыз. Бизлер Сениң достың екенимизди мойынлаўымызда қорықпаўымызға ҳəм мəрт болыўымызға жəрдем бер. Ийсаның аты менен. Аўмийин. «Ол Қудайдың Улы» Матта жазған Хош Хабар 27:22–66; Лука жазған Хош Хабар 23:44–49; Юхан жазған Хош Хабар 19:1–30 РИМ ЖҮЗ БАСШЫСЫ ИЙСАНЫҢ — ҚУДАЙДЫҢ УЛЫ ЕКЕНЛИГИНЕ ИСЕНДИ МЕ? ЯМАСА ОЛ ИЙСАНЫ ҚƏДИМГИДЕЙ АДАМ ДЕП ОЙЛАДЫ МА? Рим мəмлекетиниң басшысы Ийсаның ҳеш қандай қылмыс ислемегенин билер еди. Бирақ ол халықтың «Оны шегеле!» дегенин еситти. Адамлар Ийса Қудайдың Улы екенлигин билмеди. Соның ушын олар Оны атанақ ағашқа шегелеўин, Оны өлимге қыйыўын қəледи. Мəмлекет басшысы Ийсаны қойып жиберсе, онда халықтың наразы ҳəрекетлери басланатуғынын түсинди. Соның ушын, ол Ийсаны Рим əскерлерине берди. Олар Ийсаға жаўызларша қатнас жасады. Ийсаның үстинен күлди, Оны азаплап сабады. Кейнинен Ийсаның басына тикенек тажды кийгизип, қаланың шетиндеги төбешикке көтерилиўине мəжбүрледи. Еки бөренеден айқыш етип соғылған атанақ ағашқа Оны шегеледи. Ийса əскерлерге усылардың ҳəммесин ислеўине жол қойды. Ол Өзиниң атанақ ағашқа қағылатуғынын билди, өйткени бул Қудайдың алдыннан ойлап қойғаны еди. Қудайдың Улы ҳəмме адамлардың ислеген гүналарының жазасын мойнына арқалаўы керек еди. Рим əскерлери Ийсаның үстинен масқаралаўын даўам етти. Олар Оны «Яҳудейлердиң Патшасы» деп атап, Оның шапаны кимге тийеди деп шек таслады. Атанақ ағаштың қасында Оның анасы — Мəриям ҳəм бир неше ҳаяллар турды. Оның шəкиртлериниң бири болған Юхан да олар менен бирге болды. Олардың ҳəммесине Ийсаның атанақ ағашта азапланып атырғанына қараў қыйын болды. Жарық күндиз ўақытта күтилмегенде аспанды қараңғылық қаплады. Ийса Өзинде бурын сезбеген Жалғызлықты сезди ҳəм Қудайды шақырды. Ол шөлден ҳəм денесиндеги аўырыўдан қыйналды. Кешке жақын Ийса бар даўысы менен: — Орынланды! деп бақырды. Ол жан тапсырғанда, жер силкинди. Жердиң силкиниўи адамларда қорқыныш пайда етти. Жазаның орынланыўына басшылық еткен рим жүзбасысы күни бойы Ийсаны гүзетип турған еди. Ол Ийсаның Ким екенлигин билмеди, бирақ оның көз алдында не болғанын ол исеним менен айта алар еди. Солай етип, Рим жүзбасысы əҳмийетли таңлаў жасаўы керек еди. Ол шыны менен де Ийса Қудайдың Улы екенлигине исениўине ҳəм басқаларға буған исенемен деп айтыўына болар еди. Ямаса ол көз алдында болған нəрселерди умытыўына ҳəм ҳеш кимге айтпай сыр сақлаўына болар еди. Бүгин жүдə кеш ҳəм бүгинги ўақыяларды ертең ойлап көрермен деўине болар еди. Жүзбасы не иследи? Ол басын көтерип, атанақ ағашқа қарап қышқырып жиберди: — Ийса шыны менен де Қудайдың Улы! Ариматиялы Юсуп деген бир мийримли адам атанақ ағаштан Ийсаның денесин түсирди ҳəм бағдағы кишкене үңгирге алып келди. Қəбирдиң аўзын ол үлкен тас пенен жаўып қойды. Кейнинен əскерлер келди. Оларды қəбирдиң аўзына қойды, өйткени биреўлер Масихтың денесин урлап кетеди деп ойлады. Жазаны басқарып турған жүзбасы болған ўақыялардан жүдə қапа болған болса керек. Қудай да қатты қапа болды. Бирақ, Қудай Ийсаның қəбирде қалмайтуғынын билер еди! Жүзбасының Кимге исенетуғынын айтқанына Қудай қатты қуўанды. Еске түсирейик Не ушын халық Ийсаның өлимин талап етти? Күндиз қандай айрықша қубылыс жүз берди? Ийса ҳаққында рим жүзбасы не айтты? Ол дурыс таңлаў жасады ма ямаса надурыс па? Өз таңлаўың үстинде ойлан Қудай ҳəмме адамның Оның улы Ийса масихқа исениўин қəлейди. Сен Ийса Масих — Қудайдың Улы екенлигин қалай билдиң? Ол сен ушын өлгенине исенесең бе? Дурыс таңлаўды үйрен Атанақ ағашта өлген бир неше адамның сүўретин сал. Олар не сезгенин айтып бериўге ҳəрекет ет. Кейнинен сениң жүзиңде не болғанын көрсетип беретуғындай етип олардың қасына өзиңниң сүўретиңди де сал. Сол күни Ийсаға не айта алатуғыныңды биреўге айтып бер. Өз өмиримиздеги ең жақсы таңлаў жасаў — бул Ийсаның — Қудайдың Улы екенлигине исениў. Дуўа етейик Жаратқан Ийем, Сениң Улың — Ийсаға бизлер исенгенимиз ушын Саған миннетдармыз. Ийсаның аты менен. Аўмийин. Таң ерте Матта жазған Хош Хабар 28:1–10; Лука жазған Хош Хабар 24:9–10 МƏРИЯМ ҲƏМ ОНЫҢ ДОСТЫСЫ ИЙСАНЫҢ ШƏКИРТЛЕРИНЕ ПЕРИШТЕНИҢ СӨЗЛЕРИН ЖЕТКЕРИП БАРДЫ МА? ЯМАСА ОЛАР ЖОЛДА БӨЛИНИП КЕТТИ МЕ? Сол қала күнги азанда Ийсаның шəкиртлери, Оның жəрдимшилери жүдə қапа еди! Устазы менен бирге аўқатланған сол есте қаларлық болған төртинши күннен берли көп ўақыт өткендей болды. Ийса ҳəммеден бетер оларға мүтəж ўақтында, олар Оны таслап кеткенин шəкиртлери енди түсинди. Бесинши күни Ийса атанақ ағашта өлди. Енди олар өзлерин жалғыз ҳəм қорқынышлы сезди. Ийсаның досты болған Мəриям сол қала күни таң ерте оянды. Ол асығып кийинип, қоржынына хош ийисли шөпти салды. Соң ол аяқтың ушы менен қараңғы көшеге өтти. Ол жерде оны дослары күтип тур еди. Олар менен бирге Мəриям Ерусалим қаласының дəрўазасынан шықты. Ҳаяллар бағдағы Ийса жатырған қəбирге жол алды. Олар Ийсаның денесин хош ийисли май менен сыламақшы еди. Жолда баратырып ҳаяллар қəбирдиң аўзындағы тасты қалай аўнатамыз деп ойлады. Бирақ буның үстинен олар көп ойланыўы шəрт емес еди. Бирден жер силкинди, қанатлардың даўыслары еситилди ҳəм периште пайда болды. Ол тасты жылжытып қойды ҳəм оның үстинде отырды. Сақшылар жерге қулап түсти ҳəм өлидей болып жатты. Мəриям ҳəм оның досларын да қорқыныш қаплады. Бирақ периште ҳаялларды жигерлендиирп: — Қорықпаңлар. Мен билемен сизлер Ийсаны излеп жүрсизлер. Соңғы рет сизлер Оның өлгенин көрдиңлер. Ал енди сизлерге айтқанындай Ол жəне тири. Барып көриңлер қəбирде жоқ екенлигине исениңлер. Кейнинен Ийсаның шəкиртлерине барып айтыңлар, Ийса тирилди. Олар Галилаға барсын, сол жерде өзлериниң Усытазын көреди. Мəриям ҳəм оның дослары жуўырып кетти, бирақ кейнинен тоқтады. Олардың сөзлерине исенетуғын адам бар ма екен? Солай етип, ҳаяллар əҳмийетли таңлаў жасаўы керек еди. Олар шəкиртлерине периштениң айтқанларын жеткерип, оларға Ийса тири, Галилада олар Оны жəне көриўине болады деп жеткериўине болар еди. Ямаса ҳаяллар олардың сөзлерине шəкиртлери бəри бир исенбейди деп үйлерине тарқасып кетиўине болар еди. Ҳаяллар не иследи? Олар тек көзди ашып жумғанша тоқтады ҳəм усы ўақытта оларға Ийса пайда болды! Ол ҳаялларға: — Қорықпаңлар. Барыңлар, басқаларға айтыңлар бизлер Галилада ушырасамыз. Енди ҳаяллар самалданда бетер шаққан жуўырды. Олар Петрге ҳəм басқаларға буның бəри ҳақыйқат! Ийса тири! Онын менен Галилада көрисиўге болады дести. Қудай қатты қуўанышлы еди, себеби Оның Баласы тирилген еди. Ҳаяллардың бос қəбирди көргенине ҳəм бул қуўанышлы хабарды Ийсаның шəкиртлерине жеткерип бергенине Қудай қуўанышлы еди. Еске түсирейик Ҳаяллар бағқа қай ўақытта келди? Оларға периште не деди? Ҳаяллар дурыс таңлаў жасады ма ямаса надурыс па? Олар Ийсаның шəкиртлерине не ҳаққында айтып берди? Өз таңлаўың үстинде ойлан Соншелли жақсы болған ҳақыйқатлыққа уқсамайтуғындай жаңалық саған қашан болса да жетип келди ме? Усындай жаңалықты кимге болса да жеткердиң бе? Солардың ишиндеги ең жақсысы — бул Ийсаның қайта тирилгени ҳаққындағы хабар! Бул ҳаққында кимгедур айтыўды қəлейсең бе? Дурыс таңлаўды үйрен Күн шығыўдан ерте азанда турып, Қудайды алғыслаў шешимин қабыл ет. Егер күн жыллы болса, таза ҳаўада алғыс айтыўға ҳəм дуўа етиўге өзиңе жақын болған адамларың менен үйден сыртқа шық. Бизлердиң басқа адамлар менен бөлисе алатуғын ең жақсы хабар — бул Ийсаның тирилгени ҳаққындағы хабар Дуўа етейик Ийемиз, Ийса тири! Бул туўрысында билгенимизге қуўанышлымыз. Бул хабарды ҳəмме еситиўин қəлеймиз. Ийсаның аты менен дуўа етемиз. Аўмийин. «Мен көриўим керек» Юхан жазған Хош Хабар 20:19–31 ТОМАС ДОСЛАРЫНЫҢ ИЙСА ТИРИ ДЕГЕН СӨЗЛЕРИНЕ ИСЕНДИ МЕ? ЯМАСА ОЛ ӨЗИ БУНЫҢ АНЫҒЫНА ЖЕТПЕКШИ БОЛДЫ МА? Ийса ҳақыйқаттанда тири ме? Ийса Өзиниң Қайта тирилгенин шəкиртлериниң билиўин қəледи, сонлықтан Ол сол күни кеште оларға келди. Оның жəрдемшилери кишкене бир бөлмеге жыйналып, есикти иштен жаўып алды. Олар Ийсаны атанақ ағашқа қаққанлардан елеге шекем қорқып жүрген еди. Есикти ҳеш ким ашпаса да олардың қасында күтилмегенде Устаз пайда болды! Ийса шəкиртлерине: — Тынышлық сизлерге яр болсын. Шəкиртлери Оны қайта көргенине қандай бахытлы болды! Бул ҳақыйқат еди! Аўа, Ийса тири! Шəкиртлери отырған бөлмеде Ийса пайда болғанда, Томас атлы Оның бир шəкирти жоқ еди. — Бизлер Ийсаны көрдик! — деп оған дослары қуўанышлы хабар жеткерди. Устаз бенен бирге отырдық, — деди олар ҳəм Оның айтқанларын Томасқа жеткерди. Солай етип, Томас əҳмийетли таңлаў жасаўы керек еди. Ол өзиниң досларының сөзине исенип, Ийсаның тири екенлигине дослары менен бирге қуўанысыўына болар еди. Ямаса мен бул қуўанышлы хабарға исенбеймен деўине болар еди. Ақыры ол Ийсаның тирилгенин көрмеген еди ҳəм оған бундай өзиниң исенбеўшилигин жеңиў қыйын болды. Мине, Томас не иследи. Ол былай деди: — Өз көзим менен көрмегенше буған исенбеймен. Бир ҳəпте өткеннен кейин шəкиртлер жəне сол бөлмеге жыйналды. Бул сапары Томас олар менен бирге еди. Есик жабық турған болса да, Ийса жəне олардың қасында пайда болды. Ол жəне шəкиртлерине: — Тынышлық сизлерге яр болсын, — деди. Ийса Өзине Томасты шақырып алды ҳəм оған тек ғана Өзине қараўға емес, ал қолы менен түртип көриўине рухсат етти. Томас енди Устазының тири екенлигине исенди. Ийсаның қайта тирилгенине өз көзи менен көрмегенше Томастың исенбегени Қудайды қапа қылды. Бирақ, Қудай Томасты жақсы көрди ҳəм Томастың ақырында өзиниң исенбеўшилигин жеңип шыққанына қуўанышлы болды. Еске түсирейик Ийса оларға биринши мəртебе келгенде шəкиртлердиң арасында ким жоқ еди? Не ушын Томасқа Ийсаның тири екенлигине исениў қыйын болды? Томас дурыс таңлаў жасады ма ямаса надурыс па? Ийса Томасқа исенбеўшилигин жеңип шығыўына қалай жəрдем берди? Өз таңлаўың үстинде ойлан Бизиң бүгинги күнимизде ҳеш ким Ийсаны көре алмайды, соның ушын ойлан ҳəм сениң жүрегиңде Ийсаның қайта тирилгенине исеним бар екенлигин айт (Мухаддес Китап ўақыялары, дуўа ҳəм т. б.) Дурыс таңлаўды үйрен Ашық терезениң алдында тур ҳəм самал есип турма, соны көр. Бүгин ҳаўа тынық па ямаса самаллы күн бе? Сен самалды көре аласаң ба? Самалдың есип турғанын қалай билесең? Тəбиятта самал сыяқлы қубылысқа исенбеймен деп көз алдыңа келтир ҳəм самалдың барлығына исениўиң ушын өзиңниң туўысқанларыңнан жəрдем сора. Соңынан Ийса тири екенлигине исениўиңиз ушын бир бириңизге жəрдем бериң. Бизлер Қудайдың Улы Ийсаның тири екенлигине исенсек Қудай қуўанады. Дуўа етейик Жаратқан Ийем, Сениң Сөзиң Ийсаның тири екенлигин айтатуғыны ушын бизлер қуўанышлымыз. Бизлердиң исенимимизди беккемлегениң ушын Саған миннетдармыз. Ийсаның аты менен. Аўмийин. «Мениң қозыларымды отлат» Юхан жазған Хош Хабар 21:1–17 ПЕТР ИЙСАҒА ОНЫ ЖАҚСЫ КӨРЕТУҒЫНЫН АЙТТЫ МА? ЯМАСА ПЕТР ҮНДЕМЕДИ МЕ? Ийсаның қайта тирилгенинен кейин шəкиртлери не ислерин билмеди. Мине, бир күни Петр досларына балық тутыўға баратырман деди. Олардың да сол сəтте оның менен барғысы келип қалды. Ийсаның шəкиртлери қайтадан балықшы болғысы келип қалғандай көринди. Соның ушын, олар ески кемелерин ҳəм аўларын шығарды. Соңынан олар теңизге шықты ҳəм бир неше жыллар бурын таслағандай етип, аўларын таслады. Балық түнде жақсы аўланады. Бирақ сол түни шəкиртлери ҳеш қандай балық услай алмады. Ерте таңда олар жағада бир адамның турғанын көрди ҳəм оны танымады. Бийтаныс адам олардан даўыслап, былай деп сорады: — Балық усладыңлар ма ямаса услай алмадыңлар ма? Ийсаның шəкиртлери ол адамға жуўап берип, былай деп бақырды: — Яқ! Бизлер ҳеш нəрсе услай алмадық. Сонда жаға бойындағы адам: — Аўларыңызды жəне бир рет таслаң ҳəм оны қайықтың оң жағынан тартып алың. Сизлер көп балық тутасызлар, — деп бақырды. Шəкиртлери тап солай иследи. Аўға сондай көп балық түскенликтен, аўды суўдан шығарыў қыйын болды. Сонда Юхан Петрге: — Бул Ийса! Петр басын көтерип қарады. Шынында да, бул Ийса еди! Петр, қуўанышы қойнына сыймай бойын суўға таслап, қырға жүзип кетти. Қалғанлары оның изинен қайық пенен жүзип барды. Ийса Өзине қарай жүзип киятырған Петрди көрди ҳəм сол түнди, Петрдиң үш рет Оннан бас тартқанын еследи. Енди Ийса Петрге үш рет Устазын жақсы көремен деп айтыўына мүмкиншилик бергиси келди. Соның ушын, Ийса шəкиртлери менен қырда азанғы аўқатты жеп болғаннан кейин, Ийса Петр менен жəне сөйлести. Ол үш рет бир сораўды берди ҳəм Петр үш мəртебеде жуўап берди. — Петр, сен Мени жақсы көресең бе? — деп сорады Ийса. Солай етип, Петр əҳмийетли таңлаў жасаўы керек еди. Ол Ийсаны қатты жақсы көремен деп айтыўына болар еди. Ол буны ҳəмме досларының алдында айтыўына болар еди. Ямаса ол аўзын ашпаўына болар еди. Мүмкин, Ийса оған исенбейтуғын шығар. Ол Өзинен бас тартқан шəкиртин кешире алар ма екен? Мине, Петр не деп жуўап берди: — Аўа, Жаратқан Ийем, Сени жақсы көретуғынымды билесең. Сонда Ийса оған: — Мениң қойларымды бақ, — деди. Қойлар дегенде, Ийса адамларды нəзерде тутқан еди. Ийса Петрден ҳеш ўақытта Қудайдың сүйиспеншилигин адамларға айтыўды тоқтатпаўын өтинди. Соң Ийса Петрден екинши мəрте: — Петр сен Мени жақсы көресең бе? — деп сорады. Петр Оған: — Аўа, Жаратқан Ийем, мен Сени жақсы көретуғынымды Өзиң билесең, — деди. Ийса оған қайталап: — Мениң қойларымды бақ, — деди. Ийса үшинши рет тап сол сораўды берди: — Сен шыны менен де Мени жақсы көресең бе? Петр үшинши рет: — Жаратқан Ийем, Сен ҳəммесин билесең. Мен Сени жақсы көретуғынымды билесең, — деди. Петр жəне Ийсаның: — Қозыларымды отлат, — деген шақырығын еситти. Петр теңиздиң бойында өткен усы күн ушын қатты бахытлы еди! Ол Ийсаның оны жақсы көретуғынын ҳəм Оның шəкиртлери де Өзин жақсы көриўин қəлейтуғынын билди. Ийса Петрдың Өзиниң жəрдемшиси болып қала бериўин қəледи. Еске түсирейик Ийса шəкиртлерине балық услаў ушын қалай көмеклести? Ким теңиздиң қырына шекем жүзип барды? Ийса Петрден не сорады? Петр не деп жуўап берди? Петр дурыс таңлаў жасады ма ямаса надурыс па? Өз таңлаўың үстинде ойлан Сени бир ўақытлары қапа еткен адамыңды сен кеширдиң бе? Сени ол адам бурынғысынша жақсы көретуғынын билгениңде сен не сездиң? Сен надурыс ис ислегениңде Масих сени жақсы көре ме? Ийсаға, Оны жақсы көретуғыныңды айтасаң ба? Дурыс таңлаў жасаўды үйрен Ийсаға өзиңниң сүйиспеншилигиңди көрсетиў ушын Оған қосық айт. Мүмкин, сен таза қосық жазғың келетуғын шығар. Мысалы: оның ишинде мынадай сөзлер болыўы мүмкин: «Ийса мен Сени жақсы көремен, Сен билесең мен Сени жақсы көремен». Егер саған бир өзиңе айтыў унамаса, онда басқалар менен бирге басқа қосық айт, онда мынадай сөзлер болыўы мүмкин: «Ийса мени жақсы көреди». Егер бизлер Ийсаны жақсы көрсек, буны бизлер Oған айтыўымыз керек! Дуўа етейик Жаратқан Ийем, мени жақсы көретуғының ушын Саған миннетдарман. Сен Петр туўралы ҳəмме нəрсени билгениң сыяқлы, мен туўралы да ҳəмме нəрсени билесең. Жəне де, Петрды қалай жақсы көрген болсаң, мени де солай жақсы көресең. Ийсаның аты менен. Аўмийин. Ҳəр бир адам түсине алады Матта жазған Хош Хабар 28:16–20; Елшилердиң ислери 1–2 ПЕТР ХАЛЫҚТЫҢ АЛДЫНДА ИЙСА ТУЎРАЛЫ АЙТЫЎ УШЫН ӨЗИНДЕ БАТЫРЛЫҚ ТАПТЫ МА? ЯМАСА ОЛ БУНЫ БАСҚА БИРЕЎ ИСЛЕСИН ДЕП КҮТИП ОТЫРА БЕРДИ МЕ? Ийса Өзиниң Аспандағы Əкесине кететуғын ўақты келди. Кетпесинен алдын шəкиртлерине ҳəмме ўақыт сизлер менен бирге боламан деп ўəде берди. Соңынан Ийса оларға: — Ерусалимде күтиңлер Қудай сизлерге Өзиниң Мухаддес Руўхын жибереди. Ол сизлерди мəрт қылады ҳəм адамларға Мен туўралы айтыўыңызға жəрдем береди, — деди. Усы сөзлерден кейин Ийса бултта көтерилди ҳəм шəкиртлери Оны басқа көрмеди. Олар өзлерине ўəде етилген Мухаддес Руўхтың келиўин күтип қалды. Олар Ийсаны жақсы көретуғын адамлар менен ушырасты ҳəм олар менен бирге дуўа етти. Ақыры, бир күни азанда олар самалдың даўысына уқсаған даўысты еситти. Жалынның тилине уқсаған бир нəрсе ҳəр бир адамның төбесинде пайда болды. Бирақ бул тил ҳеш кимди күйдирип жибермеди. Адамлар сөйлей баслағанда, олар ҳəр түрли тилде сөйлей алатуғын болып шықты! Сол күни қалаға ҳəр түрли жерлерден көп адамлар келген еди. Сонда адамлар Масихтың шəкиртлери не туўралы айтып атырғанын түсинди. Петр үлкен топар болып жыйналған халыққа қарады. Ийса туўралы айтыў ушын ең қолайлы ўақыт! Солай етип, Петр əҳмийетли таңлаў жасаўы керек еди. Ол мəртлик көрсетип, жыйналған халыққа Ийса туўралы ўаз айтыўына болар еди. Өйткени Ийса Петрге халық Ол туўралы билиўи кереклигин айтқан еди. Соның ушын, ҳəзир ўаз айтсам дурыс ислеген боламан деп түсинди. Ямаса ол Ийсаны билмеймен дегендей түр билдириўине де болар еди. Ақырында, ол ким басқа биреў айтып баслайды екен деп күтип отырыўына болар еди. Петр не иследи? Ол халыққа қарап қатты ҳəм батыллық пенен сөйледи. Қудайдың Мухаддес Руўхы оған қонды ҳəм оған керекли болған сөзлерди берди. Петр халыққа Ийсаның пүткил өмири туўралы айтып берди. Кейин Оның өлими ҳəм қайта тирилиўи туўралы айтып, оны еситкенлерди: — Ҳəммеңиз гүналарыңызға тəўбе етиңлер. Ийса сизлерди кеширеди, — деп шақырды. Петрдың Ийса ҳаққында айтқанына исенип шама менен үш мың адам тəўбе етти! Петрдың мəртлик көрсеткенине Қудай қуўанышлы еди. Петрдың Ийса ҳаққында адамларға айтқанына Қудайдың кеўли толды. Еске түсирейик Ийса Аспанға көтерилместен алдын шəкиртлерине нени буйырды? Петрға Мухаддес Руўх қонғанда ол не иследи? Петр дурыс таңлаў жасады ма ямаса надурыс па? Өз таңлаўың үстинде ойлан Саған Ийса туўралы айтқан бир неше адамды атай аласаң ба? Сен Ол ҳаққында басқа адамларға айта аласаң ба? Саған керек сөзлерди ким жеткере алады? Дурыс таңлаўды үйрен Қандай болмасын бир сүўрет сал ҳəм оған үлкен ҳəрип пенен: ИЙСА СЕНИ ЖАҚСЫ КӨРЕДИ! деп жаз. Егер қəлесең ҳəр бир ҳəрипти ҳəр түрли бояўлар менен боя. Мүмкин, усы сөзлерди сен басқа тиллерде де жаза аларсаң. Бул сүўретти усы тилди түсинетуғын адамға саўға етип бер. Бизлер адамларға оларды Ийса жақсы көретуғынын айтыўымыз керек! Дуўа етейик Жаратқан Ийем, Қудайдың Улының сүйиспеншилиги ҳаққында адамларға айтқанымызда, керекли сөзлерди табыўымызға бизлерге жəрдем берегөр. Ийсаның аты менен. Аўмийин. Дамаск жолында Елшилердиң ислери 9:1–22 ПАВЕЛ ЖАМАНЛЫҚ ИСЛЕЎИН ТОҚТАТТЫ МА? ЯМАСА ОЛ БУРЫНҒЫ ӨМИРИНДЕЙ ЖАСАЎЫН ДАЎАМ ЕТТИ МЕ? Павел Қудайдың нызамларын жақсы билетуғын адамлардың бири еди. Бирақ Ийсаны билмеди. Ол Ийса ҳаққында еситкен еди, бирақ Ийсаның — Қудайдың Улы екенлигине исенбеди. Соның ушын, ол Ийсаны жақсы көриўге болады деген ойына да кирип шықпады. Павел ҳəмме жерде Ийсаны жақсы көретуғын адамларды ушырата берди ҳəм оларды қамаққа таслайтуғын еди. Ол, мен дурыс ислеп атырман деп исенди. Бир күни Павел Дамаскқа баратуғын жол менен кетип баратыр еди. Ол Ийсаны жақсы көретуғын адамларды излеп таўып, оларды қамаққа тасламақшы болды. Аспаннан төгилген жарық нур бирден оның көзлерин соқыр етти. Павел жерге қулады. Сонда ол мынандай бир даўыс еситти: — Павел сен неге Мени қуўдалап атырсаң? — Сен Кимсең? — деп сорады Павел. — Мен Ийсаман. Мен, сен қуўдалап атырған Ийсаман. Ийса шыны менен де Аспанға көтерилген еди. Ол шыны менен де Қудайдың Улы еди ҳəм Ол Павелдиң буны билиўин қəледи. Ийсаны жақсы көретуғын адамларды қуўдалаў бул Ийсаны қуўдалаў екенин Ол Павелдиң билиўин қəледи. Павел жерден турса, ҳеш нəрсени көре алмады. Сонда оның менен Дамаскқа баратырған адамлар оның қолынан жетелеп қалаға алып барды. Павел үш күн бойы Туўры көшедеги үйде тоқтады. Ол бурынғысынша ҳештеңе көрмеди. Бирақ ол дуўа ете алар еди. Ҳəм ол дуўа етти! Павел турған үйге тез арада Ийсаны жақсы көретуғын бир адам келди. Ол былай деди: — Мени саған Ийса жиберди. Ол сениң көзиңниң көриўин қəлейди! Бийтаныс адам Павелге қолын тийгизди. Сонда ол жəне көрип баслады. Солай етип, Павел дурыс таңлаў жасаўы керек еди. Ол Ийсаның — Қудайдың Улы екенлигине исениўине ҳəм Ийсаның досларын бийкарға азатлықтан айырғанын мойынлаўына болар еди. Ол жаманлық ислеўди тоқтатыўына болар еди. Ямаса Павел Ийсаны дым ғана Қудайдың Улы емес деп ойлаўына ҳəм бурынғысынша Оның досларын қамаққа таслаўын даўам етиўине болар еди. Павел не иследи? Ол Ийсаның жəрдемшиси боламан деп шешти! Ол Дамаскте бир неше күн бойы Ийсаның дослары менен сөйлести. Усыннан кейин ол өзи адамларға Ийсаның Қудайдың Улы екенлигин айта баслады. Адамлар Павелдиң соншелли өзгергенлигине ҳайран қалыўларын тоқтатпады. Ол ендигиден былай Ийсаның досларын қамаққа таслаўын тоқтатты. Енди болса, ол Ийса бул Қудайдың Улы, Оған исениңлер ҳəм Оны жақсы көриңлер! — деп адамларды қайта-қайта исендириўди даўам етти. Қудай Павелдиң жаманлық ислеўин тоқтатқанына қуўанды. Сонда Павел де Ийса Масихтың Ким екенлигин билгенинен қатты қуўанышлы болды. Еске түсирейик Павел Ийсаны жақсы көргенлер менен қандай қатнас жасады? Аспаннан Кимниң даўысы еситилди? Павелдиң көзине не болды? Павел дурыс таңлаў жасады ма ямаса надурыс па? Павел өзиниң қалған өмирин неге бағышлады? Өз таңлаўың үстинде ойлан Қандай да бир адамға сен пикириңди өзгертиўиңе туўра келди ме? Сени буған не нəрсе ийтермеледи? Сен адамларды жақсы таный аласаң ба? Сен Ийсаны қалай жақсы биле аласаң? Дурыс таңлаўды үйрен Көзиңди жум ҳəм өзиңди Павелман деп ойла. Бир өзиң қала алатуғын жерге шекем сени жетелеп барыў ушын биреўден өтиниш ет. Енди, өзиңниң қандай надурыс ислеген ислериңди көриўиңе Ийсадан жəрдем сора. Соңынан бул ислерди ҳеш қашан қайталамаўың ушын Ийсадан жəрдем сорап, Оннан өтиниш ет. Бизлер надурыс ис-ҳəрекетлерди ислегенди тоқтатқан ўақтымызда, Ийсаны сүйетуғынымызды көрсетемиз. Дуўа етейик Жаратқан Ийем, Сен бизлерге жақсы ис-ҳəрекетлерди жаман ис-ҳəрекетлерден айырып алыўымызға жəрдем беретуғының ушын Саған миннетдармыз. Бизлерге дурыс қəдем жасаўды үйретегөр. Ийсаның аты менен. Аўмийин. Ҳақ кеўил менен қабыл етиў Елшилердиң ислери 16:6–15 ЛИДИЯ ҚУДАЙДЫҢ ХЫЗМЕТКЕРЛЕРИНЕ КӨМЕКЛЕСТИ МЕ? ЯМАСА ОЛ ӨЗИНИҢ ЖУМЫСЛАРЫН ДАЎАМ ЕТЕ БЕРДИ МЕ? Павел Ийсаның Ким екенлигин билгеннен кейин, ол дүнья бойлап саяхатқа шығыўды баслады. Ол адамларға Ийса туўралы айтқысы келди. Бир күни Павел айрықша түс көрди. Оның түсине македониялы бир киси енди. Ол Павелден Македонияға кел ҳəм мениң халқыма жəрдем бер деп өтиниш етти. Соның ушын, келеси күни Павел Македонияға баратырған кемеге отырды. Павел менен бирге Ийсаның бир неше дослары: Сила, Тимофей ҳəм Лука да кетти. Келеси күни олар үлкен қалаға келди. Қаладан онша алыс емес жерде дəрья ағып турар еди. Мине, шемби — Қудайдың күнинде Павел дослары менен қаладан шығып, дəрья бойына жол алды. Олар Қудайдың адамларынан биреўлерди ушыратамыз ҳəм бирге дуўа етемиз деп үмит еткен еди. Дəрья бойында бир неше ҳаялларды көрип саяхатшылар олар менен бирге отырды. Павел оларға Ийса ҳаққында айта баслады. Ийса, Қудайдың Улы, Ол сизлерди жақсы көреди, — деди Павел. Сол ҳаяллардың биреўиниң аты Лидия еди. Оның өзиниң талабы болды, ол қызыл рең сатыў менен шуғылланды. Ашық қызылға боялған мата қызыл рең деп аталатуғын еди. Лидия Қудайға исенди. Бирақ Ийса ҳаққында ҳеш нəрсе билмеди. Павел ҳаяллар менен гүрриңлесип атырғанда Лидияға еситкенлерине исениўине Қудай жəрдемлести. Ийсаның Қудайдың Улы екенлигин Лидия енди ғана билди. Лидия суўға шомыдырылыўды қабыл еткиси келди, өйткени ол өзиниң Ийсаға исенетуғынын ҳəмме адамның билиўин қəледи. Тез арада Лидияның үй ишлериниң ҳəммеси суўға шомылдырылды! Солай етип, Лидия əҳмийетли таңлаў жасаўы керек еди. Ол Қудайдың хызметкерлерин үйинде қалыўын өтиниш етиўине болар еди. Сонда ол басқа қала турғынлары менен бирге Ийса ҳəм Оның адамларға болған сүйиспеншилиги туўралы жəне де көбирек еситкен болар еди. Ямаса Лидия Павел ҳəм оның дослары менен хошласып, саўда менен бəнтпен деп түр билдириўине болар еди. Лидия не иследи? Ол Павелди үйине шақырды. Лидия арқалы бул қалада көп адамлар Қудайдың Улы туўралы еситти. Қудайдың хызметкерлерин Лидияның ҳақ кеўил менен күтип алғанына Қудайдың кеўли толды. Усыннан кейин, Лидия да Қудайдың жəрдемшиси болды. Бул оған бахыт алып келди. Еске түсирейик Павел ҳəм оның дослары не ушын дəрья бойына барды? Олар ол жерден қандай адамларды изледи? Лидия Павелдан нени билди? Лидия қалай Қудайдың жəрдемшиси болды? Лидия дурыс таңлаў жасады ма ямаса надурыс па? Өз таңлаўың үстинде ойлан Қудай олардан күткен нəрсени ислеўдиң орнына балалар тап үлкен адамлар сыяқлы күни бойы бəнт болады. Сен қандай күнделикли жумыслар менен шуғылланасаң? Сен жақсы көретуғын қандай жумысың ушын ўақыт табасаң? Дурыс таңлаўды үйрен. Карточкаға күнделикли шуғылланатуғын жумысыңды, жəне де, бос ўақтыңда не менен шуғылланыўды жақсы көретуғыныңды сал ямаса жаз. Ийсаға хызмет етиў ушын ўақыт табыў — ҳəмме ўақытта дурыс шешим болып есапланады. Дуўа етейик Жаратқан Ийем, Саған хызмет етиў ушын бəрҳəма ўақыт табыўымызға бизлерге жəрдем етегөр. Ийсаның аты менен. Аўмийин. Қамақта жатып Қудайға алғыс айтыў Елшилердиң ислери 16:16–36 ИСЕНИЎ ҚЫЙЫН ЖАҒДАЙДА ПАВЕЛ ҚУДАЙҒА ИСЕНДИ МЕ? ЯМАСА ОЛ ҲƏММЕ ЎАҚЫТ ҚУДАЙҒА ИСЕНБЕДИ МЕ? Көпшилик адамларға Павелдиң ўазын тыңлаў унар еди. Павел оларды Ийсаға исениўди үйретти. Бирақ ҳəкимиятқа ҳəм байлыққа умтылған адамлар Қудайдың сүйиспеншилигин түсинбеди. Павелдиң ўазы олардың ашыўын келтирди. Бир күни бир неше адам Павелди ҳəм оның досты Силаны услап алып, оларды қамаққа таслады. Не ушын? Себеби олар ол жерде халыққа Ийса туўралы айта алмас еди. Қамақханада Павел менен Силаға аўыр болды. Қамақхана хызметкери олардың биротала ериксиз болып қалыўына ҳəмме нəрселерди иследи. Айнадағы ҳəм қапыдағы торлар олардың азатлыққа шығыўына тосқынлық етти. Тутқынлардың аяғына кийдирген буғаўлары олардың жылжыўларын қыйынластырды. Олар ҳəмме ўақыт қамақхананың патас полында отырыўына мəжбүр болды. Солай етип, Павел ҳəм Сила əҳмийетли таңлаў жасаўы керек еди. Олар үмитсиз болмаса да болар еди, себеби ҳəтте бул жерде де Қудай олар менен бирге еди. Олар Қудай Өзи ғамхорлық етеди деп ўайымламаса да болар еди. Ямаса Павел ҳəм Сила үмитсизликке түсип, көз жасларын төгиўине болар еди. Еки дос өз күшлери менен қамақтан шығыўына ҳəрекет етиўине болар еди. Ондай болғанда оларды нағыз өлим қəўипи туўар еди. Павел ҳəм Сила қандай ҳəрекет етти? Олар бурынғыдай Қудайға үмит етиўин даўам етип, қайғыға берилмеди. Түнде олар Қудайға дуўа етип, Оны қосық айтып алғыслай баслады. Оларды қамақханадағы ҳəмме тутқынлар еситти ҳəм олардың ҳəр бири Қудайдың сүйиспеншилиги туўралы билип алды. Бирден жер силкинди. Жер сондай силкинди, қамақхананың есиклери ашылып кетти! Тутқынларды байлап қойған шынжырлар үзилип кетти! Қамақхана хызметкери қорқынышта еди. Бирақ Павел оны: — Қорықпа! Бизлер усы жердемиз деп тынышландырды. Усы ўақыядан кейин қамақхана хызметкери гүнадан қалай қутылыўға болатуғынын билгиси келди. Павел менен Силаның Қудайға қосық айтып, дуўа еткенин ол да еситкен еди. Ол Павел менен Силаның Қудай туўралы айтып бере алатуғынын билген еди. Сонда Павел менен Сила оған: — Ийсаға исен, сонда қутқарыласаң, — деди. Сонда хызметкер исенди! Ол Павел менен Силаны үйине мийманға шақырды. Бурын тутқын болғанлар сол үйде Ийса туўралы сол шаңараққа айтып берди, оларды еситкенлердиң ҳəммеси исенди. Қамақхана хызметкери Павел менен Силаны тойдырды. Азанда қамақхана хызметкери оларға: — Кете бериңлер, сизлер азатсызлар, — деди. Қудай Павел менен Силаның Оған умит еткенине қуўанышлы болды. Қамақханада еки дос Ийсаға садықлығын сақлап қалғаны ушын өзлери де қуўанышлы болды. Олар ең қыйын шыдап болмайтуғын жерде де қапа болмаў кереклигин ҳəм үмитсизликке түспеў кереклигин түсинди. Бул сондай əжайып түн болып шықты! Еске түсирейик Не ушын Павел менен Силаны қамаққа таслады? Олар қамақханада үмитсизликке түсти ме ямаса қайғыға батты ма? Павел менен Сила дурыс таңлаў жасады ма ямаса надурыс па? Олар қамақхана хызметкерине қалай жəрдемлести? Өз таңлаўың үстинде ойлан Сенде ҳəмме нəрсениң кериси болып атырғанын түсинген күниң болды ма? Қудайға арнап қосық айтыў, дуўа етиў ҳəм Оған умит етиў саған қыйыншылықларды жеңиўиңе жəрдем етти ме? Егер жəне бир рет қапа болсаң не ислейсең? Дурыс таңлаўды үйрен Егер сен ата-анаң менен жолда машиналардың тығылысына түсип қалсаң ямаса гүлдирмама ўақтында көшеде қалып қойсаң не ислейсең? Мүмкин, масийхыйлардың қосығын айтарсаң. Мүмкин, сен Мухаддес Китап ўақыяларын айтып берерсең. Ҳəтте бизлер ушын ең қыйын ўақытта да бизлер Қудайға үмит етиўимиз керек. Дуўа етейик Жаратқан Ийем, Саған миннетдармыз, себеби Сен ең қыйын ўақытларда да бизлер менен бирге боласаң. Ҳəмме ўақыт Саған үмит етиўимизге бизлерге жəрдем етегөр. Ийсаның аты менен. Аўмийин. Ҳəммеге үйретиңлер Елшилердиң ислери 18 АПОЛЛОС ӨЗИНИҢ УСТАЗЛАРЫН ТЫҢЛАДЫ МА? ЯМАСА ОЛ ИЙСА ТУЎРАЛЫ МАҒАН БИЛИЎДИҢ НЕ КЕРЕГИ БАР ДЕП ЕСАПЛАДЫ МА? Павелди қамақтан босатқаннан кейин, ол өз саяхатын даўам етти. Ол бир елаттан басқасына өтип, адамларға Ийса туўралы айтып жүрди. Бир күни Павел қалаға келди, ол жерден өзине көп дос арттырды. Бул Акила ҳəм оның ҳаялы Прискила еди. Павел жаңа дослары менен олардың үйинде бирге жасады ҳəм олар менен бирге палатка тоқыды. Ҳəр ҳəптеде Қудайға арналған күни Павел синагогаға барып турды. Адамлар келип, Қудайға сыйынатуғын жер усылай аталатуғын еди. Синагогада дуўа ететуғын адамлардың ҳəммеси Қудайды жақсы көрди. Бирақ олар Қудайдың Улы Ийса Масих ҳаққында ҳештеңе билмеди. Оларға Павел Ийса ҳаққында айтып атырғанда биреўлери оған исенбеди, ал басқалары Қудайдың Улына исенди ҳəм жақсы көрип қалды. Соңынан Павел басқа үйге көшип өтти ҳəм ол жерде бир жылдан көп ўақыт жасады. Сол ўақыттың ишинде ол Ийса Масих ҳаққында адамларға ўаз айтып, үйретти. Павелдиң сол қаладан кететуғын ўақты да келди. Қудай оның басқа қалаға барып, адамларға Ийса ҳаққында айтып бериўин қəледи. Павелдиң жаңа дослары болған Акила ҳəм Прискила оның менен бирге жолға атланды. Дослар басқа қалаға келди ҳəм Павел ол жерде де көп адамларға ўаз айтты. Ол өз саяхатын даўам етиў ушын кетейин деп атырғанда, Акила ҳəм Прискила бул рет оның изинен ермей сол қалада қалды. Бир күни Акила ҳəм Прискила синагогаға келди. Бул орын Қудайға сыйынатуғын орын болып, сол қалада жайласқан еди, яғный олар жаңадан орналасқан жерде еди. Ерли зайып синагогада ўаз тыңлады. Ўазды Аполлос атлы бир адам айтты. Ол жақсы устаз еди. Бирақ Павелдиң дослары ўазшының Ийсаны билмейтуғынын билди. Ўаздан кейин Акила ҳəм Прискила Аполлостан бирге сəўбетлесиўин сорады. Келисимин алғаннан кейин, олар Ийса ҳаққында Павел оларға қалай үйреткен болса, солай айтыўды баслады. Солай етип, Аполлос əҳмийетли таңлаў жасаўы керек еди. Ол Акила менен Прискиланың Ийса ҳаққында сөзин тыңлаўына болар еди. Ол усы ҳаял менен кисиге өзлериниң үйренген нəрселерин оған үйретиўине жол бериўи ҳəм басқа адамларға Ийса Масих туўралы айтып бериўине болар еди. Ямаса ол Акила менен Прискилаға сизлерди еситким келмейди, Қудай туўралы керек нəрселердиң ҳəммесин билемен, деўине де болар еди. Аполлос қандай шешимге келди? Ол Акила менен Прискиланың Ийса туўралы айтып бергенин дыққат пенен тыңлады. Усыннан кейин, ол басқа қалаға барып, Қудайдың Улы туўралы айтып берди. Ол адамларға Ийса Ким болғанлығын түсиниўине жəрдем берди. Ол адамларға: — Қудай бизлерге кимди жибереди деп күтип отырасызлар. Бирақ Қудай əлле қашан Ийсаны жиберди! Ол Қудайдың Улы. Ийса бул Сол сизлердиң күтип отырғаныңыз. Аполлос арқалы көп адамлар Ийсаны таныды. Қудайдың Акила менен Прискиланы еситкени ушын Аполлосқа кеўли толды. Олар дым жақсы етип айтып берди ҳəм ол дыққат пенен тыңлады. Ол Қудайдың Улы туўралы ҳəмме нəрсени билип алды. Соңында Аполлос та жақсы ўазшы болып жетилисти! Еске түсирейик Павел өзиниң жаңа досларының үйинде қандай жумыс иследи? Павел менен бирге ким басқа қалаға жол алды? Акила менен Прискила Аполлосқа Ким туўралы айтқысы келди? Аполлос дурыс таңлаў жасады ма ямаса надурыс па? Соңынан Аполлос ким туўралы басқа адамларға айтып берди? Өз таңлаўың үстинде ойлан Ал, сен Ийса туўралы нелерди билдиң? Ол туўралы еледе көбирек билгиң келе ме? Егер сениң есиңде болса Аполлос үлкен адам еди, бирақ ол басқаларға Масих туўралы айтыўы ушын оған Ол туўралы көп нəрсе билиўи керек еди! Дурыс таңлаў жасаўды үйрен Өзиң жақсы көрген Ийсаның тарийхының бир-екеўин ал ҳəм онда өзиң ушын жаңа нəрселерди табыўға ҳəрекет ет. Соң қуўыршағыңды ямаса ойыншық ҳайўаныңды отырғызып, оларға усы тарийхты айтып бер. Усыннан кейин басқа адамларға сен айта аласаң. Ийса туўралы көбирек билиўге ҳəрекет еткен сайын, бизлер ең дурыс таңлаў жасаймыз! Дуўа етейик Жаратқан Ийем, Ийса Масих туўралы айтып беретуғын ҳəм бизлерди үйрететуғын Мухаддес Китаптағы тарийхый ўақыялар ушын Саған миннетдармыз. Бизлердиң мүғаллимлеримиз ушын Саған миннетдармыз. Олар бизлерге Мухаддес Китап не айтатуғынын түсиниўимизге жəрдем береди. Ийсаның аты менен. Аўмийин. ЕСКЕРТПЕЛЕР 1. Лепта — бул Жаңа Келисим дәўиринде ең кишкене тийинды аңлатар еди. — Ред. ескертиўи.