Гейде ҳаяллар өз өмирин өзгертиўди жүдə қəлейди! Бирақ Қудайдың жəрдемисиз ўақыттың сынағына шыдайтуғын өзгерислерди ислеў мүмкин емес. Өмирден мысаллар келтирип, Сторми Омартиан ҳаяллардың өзлери ушын қалай дуўа ете алатуғыны ҳəм олардың дуўасының қаншелли тəсирли болыўы мүмкинлиги ҳаққында айтып береди. Автор өзиң ушын сораныўда қолланыўға болатуғын дуўаның үлгилерин усыныс етеди. Усы дуўалардың арқасында сизлер өмирдиң толықлығын сезесиз ҳəм өзлериңиздиң алдыңызға Қудайдың қойған мақсетине жетесиз.
Сторми Омартиан
ДУЎА ЕТИЎШИ ҲАЯЛ-ҚЫЗЛАРДЫҢ КҮШИ
МИННЕТДАРШЫЛЫҚЛАР
Мен бул китапты Қудай менен жақынырақ қатнасты орнатыўды аңсайтуғын ҳәм Оның изинен ериўди қәлеп, өзлери ушын Оның таярлап қойған жарылқаўларын алыўға ҳәм Оның өзлерин ким қылып жаратқан болса, сол болыўына талпынатуғын Масихтағы сиңлилериме арнайман.
Мен мына адамларға айрықша рахметимди айтаман:
• Сьюзан Мартинеске — оның қоллаў дуўасы ҳəм мениң хаткерим сыпатында мийнет сүйгишлиги ушын, дослық жəрдеми ҳəм биргеликтеги дуўалары ушын.
• Сүйиспеншилиги, дуўалары ҳəм мазалы түски аўқатлары ушын күйеўим Майклге.
• Мениң балаларыма.
• Мениң садық досларым: пастор Джек Хейфорд, Райс Брукс, Тим Джонсон, Рей Макколлум, Джон Роэр, Джим Лаффун ҳəм Скотт Бауэрге — олардың жанландырыўшы дуўалары ҳəм өмирди тастыйықлайтуғын сөзлери ушын.
• «Харвест Хаус» баспаханасының исшилери: Боб Хокинс-кишкене, Кэролин Маккриди, Терри Глэспл, Бетти Флетчер, Джулии Маккинни, Тереза Эвенсон, Ларей Уэйкерт, Ким Мур ҳəм Пегги Райтлерге — олардың жəрдеми ҳəм қоллаўы ушын.
• Маған өзлериниң кеширмелери, қуўанышлары ҳəм сырлы қəлеўлери менен бөлисип, əпиўайы ҳəм электрон почта бойынша хатлар жиберген мыңлаған ҳаялларға.
ДУЎА ЕТИЎДИҢ КҮШИ
Қудай Ийемиз бизлерге ыразы болсын, қолымызға алған исимизди келистирсин.
Сениң жасыңа ҳəм шаңарағыңның жағдайына, денеңниң ҳəм жаныңның жағдайына, көп ўақыттан берли исениўши адам болғаныңа ямаса улыўма бундай емеслигиңе қарамастан, егер сен ҳаял болсаң, онда бул китап сен ушын. Мен 30 жылдан көбирек Қудайдың изинен садық жүремен ҳəм ҳəзирге шекем усы жолдан шықпадым, бирақ бул китап өзиме де керек. Расын айтқанда, мен буны сениң менен уқсас болғаным себепли сен ушын да, өзим ушын да жаздым. Мениң өмирим жеңил сейилге қарағанда, көбинесе аўыр сынақ болды; ол тəшиўишсиз ҳəм қуўанышлыға қарағанда, қəўипли ҳəм шаршататуғын еди. Ол жумсақ, салқын, тазартататуғын самалға емес, ал бетке уратуғын күшли ыссы ҳəм қурғақ самалға уқсас.
Бирақ Қудай мениң дүзиў емес жолларымды тегис қыла алыўын, даўылды тынышландырыўын, мени ҳəм маған қымбатлы ҳəмме нəрсени қорғаўын ҳəм егер мен Оннан өмиримниң қыйыншылықларын Өзине алыўын сорасам, мениң жүгимди жеңил қылыўын билемен. Бирақ бул дуўа етпей, өзинен өзи болмайды.
Күнделикли асығыўшылықтың ортасында бизлер жетерлише дуўа етпеймиз. Ямаса шешилиўди көбирек талап ететуғын машқаланың шешими ҳаққында дуўа етемиз ҳəм Қудайға жақынлаў ушын, Оны тереңирек билиў ушын ҳəм Оған барлық мүтəжликлеримиз ҳаққында айтыўымыз ушын ўақыт таба алмаймыз. Күнде «асығыс дуўа етиўди» қолланып, бизлер Қудайдың жарылқаўлары өмиримизге келетуғын сол жолларды жабамыз. Бул жағдайда бизлер бослық ҳəм қəўетер сезимине ҳəм аяғымыздың астындағы жер қумға айланып атырғаны, ал қорғаўшы қатлам мəйектиң қабығы сыяқлы ҳəлсиз болып атырғаны ҳаққында қорқынышлы ой менен бир күни ояныўға тəўекел етемиз. Дəл усы нəрсе бир неше жыл алдын мениң менен болды.
Сол ўақытта мен өмирдеги ең баслысы — Қудай менен жеке қатнас ҳаққында умытатуғындай үй жумыслары ҳəм жас өспирим балаларымды тəрбиялаў менен жүдə бəнт болдым, мен жақсы ҳаял ҳəм үй бийкеси болыўға сондай ҳəрекет еттим, китапларымның көргизбелери менен дүнья бойлап көп саяхат еттим, ибадатхана жыйналысларына соншелли жийи бардым ҳəм барлық мүтəж адамларға жəрдем бердим. Оның жолларында жүриўди тоқтатпадым, керисинше, мен Қудайсыз бир күн де жасай алмайтуғын едим. Мен дуўа етиўди тоқтатпадым, керисинше, басқа ўақытқа қарағанда дүнья жүзиндеги пүткил адамлар ушын көбирек дуўа ететуғын едим. Бирақ мен өзимниң Қудай менен қатнасым ҳаққында дуўа етпейтуғын едим. Мен Қудайдың сөзин оқымадым емес-мен сол ўақытта үстинде ислеген түрли проектлер ушын мағлыўмат жыйнаў ҳəм сол ўақытта мухаддес китаплық сабақларға таярланыў ушын Мухаддес Китапты саатлап оқыйтуғын едим. Бирақ мен Қудайға жеке өзим менен сөйлесиўге ўақыт қалдырмайтуғын едим. Мен жақсы нəрсеге сондай бəнт болғанлықтан, жақсырағын жоғалттым. Буны түсинбей, мен Мəриям болыўдың орнына, Марта болдым (Лк 10:38–42-қа қараң).
Мен Қудай менен жеке қатнас ўақтымды қысқарттым, буның нəтийжесинде тəшиўишлер аўырлығы менен езилип қалдым ҳəм кейин қозғала алмадым. Мен ҳəлсиз сыртқы тəсирден де шытнап кететуғын нəзик хрусталь вазасына уқсап қалдым. Мен басқа барлық мүтəжликлерден мениң мүтəжлигим Қудайға өткир ҳəм əҳмийетлирек екенин түсинетуғын едим. Оннан басқа ҳеш ким мениң руўхый ашлығымды қандыра алмайды. Мен дуўа еткенимде Қудай менен жеке қатнасты сақлап ҳəм қəдирлеў өзим ушын қаншелли əҳмийетли екенин түсиндим.
Өзим түсип қалған жағдайдан шығыў өмиримниң ҳəр бир аспекти, өзимниң руўхый өсиўим ҳəм Қудайдың ўəделерин есте тутыў ҳаққында дуўа етиўден ибарат еди. Тек усындай дуўа етиў бизлерге Қудайда ҳəм Оның нийетине жəмлениўге ҳəм жеке өзлеримиздиң емес, ал Қудайдың жолларында жүриўди баслаўға жəрдем береди; бул дуўа етиў бизлерге өзлеримиздиң нəзеримизди ўақытшадан алыўға ҳəм оны мəңгиликке қаратыўға жəрдем береди ҳəм сол ўақытта бизлер ҳақыйқаттан əҳмийетли нəрсени көриў қəбилетине ийе боламыз. Ол бизлерди ҳақыйқатты өтириктен ажыратыўға үйретеди, исенимимизди беккемлейди ҳəм бизлерге мүмкин емес нəрсеге исениўге жəрдем береди. Усындай дуўа етиўдиң нəтийжесинде бизлер жүдə аңсайтуғын Қудайдың қызларына айланамыз ҳəм буның мүмкин екенине исенемиз. Қандай ҳаял буған мүтəж емес?
Өзимниң алдынғы китапларымда мен күйеўи ҳəм ҳаяллардың бир-бири ушын, ата-аналардың — өзлериниң балалары ушын, ал пухаралар — өзлериниң ели[1] ушын қалай дуўа ете алатуғыны ҳаққында айтқан едим. Усы китапта мен саған өзиң; ушын сен қалай дуўа ете алатуғыныңды ашыўға ҳəрекет етемен. Мен саған Аспандағы Әкеге жақынлаўға, Оның қушағын сезиўге, Оның алдында жүректи тазартыўға, Оның сен ушын айрықша тəғдирди белгилегенине исениўиңе, Ол сени ҳақыйқатында ким етип жаратқанын билиўге ҳəм Оның сениң алдыңа қойған мақсетлерине жақынласыў ушын Онда толықлық ҳəм жуўмақланыўға ийе болыўға жəрдем бериўди қəлеймен. Басқа сөз бенен, мен сениң өзиң ушын тəсирлирек дуўа етиўди ҳəм Қудай менен тығызырақ қатнаста болыўды үйрениўиңди қəлеймен.
Не ушын өзиңе дуўа етиў сондай қыйын?
Сиз өзиңизге қарағанда басқалар ушын дуўа етиў жеңилирек екенин сездиңиз бе? Мен сездим. Маған өзимниң жеке машқалаларымның шешими ҳаққында дуўа етиўге қарағанда, күйеўим, балаларым, басқа туўысқанларым, танысларым, досларым ҳəм ҳəтте мүтəжликлери ҳаққында жаңалық дəстүрлеринен билген өзиме таныс емес адамлар ушын дуўа етиў аңсатырақ. Бул ең алды менен мениң басқалардың мүтəжликлерин анық көриўим себепли болды. Мениң жеке мүтəжликлерим болса жүдə көп санлы, шатасқан ҳəм көбинесе қыйын шешилетуғын, ал айырым ўақытлары оларды билиў маған улыўма қыйын. Бизлер, ҳаялларға, өзлеримиздиң ҳəммесинен көбирек неге мүтəж екенимизди анық билетуғынымыздай көринеди. Бизлер айқын нəрсени көриўди билемиз. Бирақ бизлердиң басқа адамлар менен сезимлик байланысымыз соншелли беккем ҳəм бизлер күнделикли асығыўшылыққа соншелли батқанымыздан, өзлеримиздиң өзимиз ушын аўыр емес, ал əпиўайы жағдайларда қалай дуўа етиўимиз кереклигин түсиниўди тоқтатамыз. Айырым ўақытлары жəрдем ҳаққында ең ҳақыйқый бақырыс болатуғындай шараятлар бизлерди соншелли жутады.
Сениң өмириң қадағалаў астынан шығып атырғандай сезиле ме? Күнделикли тəшиўишлер сениң өмириңниң оғада əҳмийетли бөлегин урлап атырғандай ма? Сениң өмириңдеги бир ямаса бир неше тараўлар сениң көп рольлерди атқарыўға ҳəм көпшиликтиң үмитлерин ақлаўға ҳəрекет етиўиңниң себебинен менсинбеўшиликте болғаны сени тəшиўишлендире ме? Менде бурынлары сондай болды.
Сенде «тайғалақлап атырғандай» ҳəм алға жүрмей атырғандай болып сезиле ме ямаса, бурынғыдан да бетер изге қайтып атырғандай ма? Өз келешегиңниң ҳəр түрли көринислерин жоғалтқандай болып сезиле ме? Ал, бəлким, бундай ойлар саған улыўма ҳеш қашан келмеген шығар? Сениң тəғдириң неден ибарат екенин билиўди ҳəм Қудайдың алдыңа қойған мақсетлерине жетиўге ҳақыйқаттанда кирисиўди қəлейсең бе? Сенде интасызлық кеўил қалыўшылық, өзиңниң минсиз емеслигиңди сезиў болды ма? Менде бурынлары көп мəрте болды.
Қудайдың сениң менен қатнаста болыў интасы қыйнап атыр ма? Сен Қудайды билиўди қəлейсең бе? Сен Оған жақсырақ хызмет етиўди қəлейсең, бирақ сенде я ўақыт, я күш, я мүмкиншилик жоқ солай ма? Сен Оның менен дуўа етиў қатнасында көбирек ўақыт өткериўге мүтəжсең бе? Сен зор исеним менен дуўа етиўди ҳəм Қудайдан əжайып жуўапларды алыўды қəлейсең бе? Сен Қудайдың сөзин билиўге мүтəжсең бе? Сен айырым ўақытлары болса да Ийсаны қатты қушақлаўды ҳəм Оның жыллылығын, сүйиспеншилигин сезиўди бастан өткересең бе? Мен басымнан өткеремен.
Дəл усы сезим бизлерге Қудай тəрепинен салынғаны əжайып.
Қудай бизлердиң Оның менен қатнаста болыўды аңсаўымызды қəлейди. Оған бизлердиң Онда өмирдиң толықлығына ийе болғанымыз керек. Қудай сениң өмир бойы Өзиниң қасында жүриўиңди, исенимде өсиўиңди ҳəм Оның сөзин тереңирек түсиниўди үйрениўиңди, өзиңниң барлық үмитлериңди ҳəм əрманларыңды Оның қолына тапсырыўыңды ҳəм Онда өзиңниң барлық мүтəжликлериңниң қанаатландырылыў булағын көриўиңди қəлейди. Егер сен усылай ислесең, Қудай сен ушын Өзиниң жарылқаўларының ғəзийнесин ашады, себеби Оның ерки дəл усындай.
Мен өзимниң мүтəжликлеримди қалайқанаатландырайын?
Ҳəр бир ҳаялдың өзиниң талаплары бар. Бирақ көпшилик ҳаяллардың айыбы усы талапларын қанаатландырыўды өзлериниң досларынан, өзлерине артықмаш жақын еркеклерден сораўынан ибарат. Ҳаяллар тек Қудай ислеўге қəдир болған нəрсени еркеклердиң ислеўине үмит етеди. Нəтийжеде олардың жəрдем бере алмайтуғынлығы себепли өз жолдасларынан кеўли қалады. Ҳаяллар тек Қудайға сүйениўи керек болғанда еркеклерден жүдə көп нəрсени күтеди.
Бул пикирди достым Лиза Бевер: Әсирлер даўамында ҳаяллар «еркеклерди өзлерин жарылқаўға ҳəм баҳалаўға мəжбүр етиўге ҳəрекет етип Адам-атаның уллары менен гүресип, урыс алып барып атыр. Бирақ бул гүрес кеўил қалыўдан… басқа ҳеш нəрсеге алып келмейди. Негизинде, бул еки тəреп те жеңилетуғын мəниссиз ҳəм аўыр урыс. Бирақ Адам-атаның уллары айыплы емес, олар бизлердиң излеп атырған сол жарылқаўларды бизлерге бере алмайды, ал бизлер өзлеримиздиң жанларымыздың үстинен жүдə үлкен бийликти исенип тапсырып оларды тек қорқытамыз. Бизлер өзлеримиздиң ҳақыйқаттан мүтəж болған жарылқаўларымызды тек Қудай бере алатуғынын түсиниўимиз керек»[2], — деп айтып ҳəммеден жақсырақ түсиндирди.
Егер Онда өзлеримиздиң ийгиликлеримиздиң ҳəм барлық мүтəжликлеримиздиң толыў дерегин таппасақ, бизлер Қудайсыз ҳеш қашан бахытлы бола алмаймыз. Тек Ол бизлердиң жанларымыздың үстинен бийликке ийе.
Бизлер өзлеримиздиң үмитлеримизди шəриятларға ҳəм адамларға емес, ал Қудайға бериўимиз керек. Мен буны излеўге қарағанда айтыў аңсат екенин билемен, соның аңсатынан баслайық. Келиң Қудайға: «Қудайым, мен Саған барлық мүтəжликлеримди толықтырыўың ушын мүрəжат етемен. Өзимниң барлық үмитлеримди Саған бериўиме жəрдем бер», — деп айтайық. Егер сениң өзиңниң машқалаларыңның шешилмей қалғаны себепли кеўлиң қалған болса, «Жан дүньям, тынышлан жалғыз Қудайдан. Үмит келеди маған тек ғана Оннан» (Заб 61:6), — деп айт. Кейин Қудайға өзиңниң барлық мүтəжликлериң ҳаққында айт ҳəм Оған жүрегиңди аш. Қəўетерленбе, таң қалма ҳəм қорқынышқа түспе, себеби Ол ҳəммесин биледи. Ол буны сеннен еситиўди қəлейди.
Толық өмир менен жасаў
Егер бизлер азғантай болса да уқсас болсақ, онда мен сыяқлы сен де қалай болса да зорға күн көрип ҳəм ана басын мына басына жеткериўге ҳəрекет етип, өлмес аўқат пенен күн көриўди қəлемейсең. Саған Ийсаның: «…Мен олар өмирге ийе болыўы ушын, дəўлетли өмирге ийе болыўы ушын келдим» (Юх 10:10), — деп айтқан басқа өмир — дəўлетли өмир керек.
Бизлер ҳақыйқатты билетуғын, бирақ ол бойынша ислемейтуғын, өзлериниң Қудайға деген исеними өмиринде белгилеўши жағдай болыўына жол қоймайтуғын ҳаяллар болыўды қəлемеймиз. Бизлер гүман, қорқыныш, исенимсизлик ҳəм қорғаўсызлық сезиминиң аўырлығы астында жасаўды қəлемеймиз — бизлер өмиримизде мақсет болыўын қəлеймиз. Бизлерди сүт пенен азықланатуғын кишкене балалардың жасайтуғын өмири қанаатландырмайды. Бизлер басқа өмир — қуўанышлы ҳəм жемисли өмирдиң дəрежесине шекем өсиў ушын Қудайдың ҳақыйқаты менен азықланыўды қəлеймиз.
Бизлердиң ҳеш қайсысымыз бирдей машқалалар, кеўилсизликлер ҳəм қəтелерге қайтып, шеңбер бойынша айланып жүриўди қəлемеймиз. Бизлер жүреклери турпайыласқан ҳəм қайғы, кешириўди қəлемеў, қəўетер, сабырсызлық ҳəм қапашылыққа толған, руўхый жетилисиўге уқыпсыз, ҳəлсиз адамлар болыўды қəлемеймиз. Бизлер: «Мениң өмирим ҳеш ўақытта өзгермейди, себеби көп ўақыттан берли өзгермей атыр», — деп айтып, өзлеримизге ноқат қойыўды қəлемеймиз. Бизлер усы үмитсиз кейпияттың бузық шеңберинен ҳəм қайталанатуғын ўақыялар ҳəм шараятлардан шығыўды қəлеймиз. Бизлер тек бар болып қоймастан, ал жасаўды да қəлеймиз.
Бизлер жеңимпаз болыўды қəлеймиз. Бизлер өзлеримизге қарағанда үлкенирек нəрсениң бир бөлеги болыўды қəлеймиз. Бизлер жақсы жемис алып келетуғындай Масихтың исине хызмет етиўди қəлеймиз. Бизлер өмиримиздиң мақсетин көриўди ҳəм Қудайдың сүйиспеншилигине қоршалыўды қəлеймиз. Бирақ бизлер өмирдиң усындай жоқары дəрежесине Қудайсыз ҳеш қашан жете алмаймыз. Ал, Қудайдың жəрдемин бизлер тек дуўа еткен жағдайымызда ғана аламыз.
Қудайдың күшине қалай толаман?
Бизлер шараятлардың алдында өзлеримизди пүткиллей ҳəлсиз сезетуғын дəўирлер болады. Бизлер өзлеримиздиң өмиримизде анық өзгерислерди өзлеримиз ислеўимиз ушын жетерли күшке ийе екенимизге көп исендик. Бизлер өзлеримиздиң барлық күшлеримиздиң үзил-кесил екенин ҳəм өзимизди ямаса өзимиздиң өмиримизди мəңгиликке əўметсиз өзгертетуғынын, бəлким, билетуғын шығармыз. Бизлер өзиниң күши бойынша мүмкиншиликлеримизден айтарлықтай жоқары қандай да сыртқы күшке өзимиздиң мүтəж екенимизди мойынлаймыз. Бирақ бул дүньяда өзлеримиздиң ҳəм жолымызда турған қыйыншылықларымыздың үстинен көтерилиўге жəрдем бериўге уқыплы тек бир күш бар ҳəм бул Қудайдың күши.
Қудайдың күши болмаса өз ҳəлсизликлеримизди жеңип ҳəм əдеттеги жолымыздан шыға алмаймыз. Бизлер ҳəммеси өзлеримизге қарсы болатуғын жағдайда емеспиз; бизлер Мухаддес Руўхтың күшинен ажыралған руўхый ҳəлсизликте жасаўға сазаўар болғанбыз; өзлеримизге Қудайдың таярлағанын алыўға тосқынлық ететуғын қарсылықларды жеңе алмаймыз.
Бизлер өз мүмкиншиликлеримизди шеклейтуғын ҳəм бизлерди Қудайдың жарылқаўынан айыратуғыннан азат болыўды күтип ўақытты өткериўди қəлемеймиз. Бирақ бул Мухаддес Руўхтың күшин мойынламасақ мүмкин емес. Мухаддес Руўхтың ролинен бас тартып, Мухаддес Китаптың «өзлерин Қудайдың жолы менен жүрген қылып көрсетеди, бирақ Оның жолының күшин тəн алмайды» (2 Тим. 3:5), — деп аталған адамларға уқсаймыз. Бизлер оларға ғəрезсиз түрди берип, жатырқаўшылықты көрсеткен топылыс пенен «масихыйлық тилде» сөйлейтуғын «тəжирийбели» масихыйлар боламыз. Бул — бастан-аяқ əдеплилик ҳəм ҳеш қандай жыллылық ҳəм сүйиспеншилик жоқ, бастан-аяқ суд ҳəм азғантай болса да мийримлилик жоқ, бастан-аяқ өзине исенимлилик ҳəм ҳеш қандай бойсыныўшылық жоқ, сөзлердиң ағысы ҳəм бир тамшы көз жас болмаған жаны жоқ театр тамашасына уқсайды. Бизлердиң ҳəлсиз ҳəм мəниссиз өмиримиз олсыз жеке шеклениўимиздиң үстинен тура алмайтуғын ҳəм қоршаған дүньяны өзгертиўге арналған Қудайдың қолында қурал бола алмайтуғын негизги ишки өзгериў үмитинен айырылғанбыз. Бирақ бунда өмиримиздиң мəниси қуралған ғо.
Қудай бизлердиң «Ийсаға исенген бизлерде үлкен қүдирет пенен ҳəрекет еткен Қудайдың күшиниң қаншелли уллы екенин»… (Еф. 1:19-қа қараң) түсиниўимизди қəлейди. Ол бизлердиң Ийсаны «…өлимнен қайта тирилтип ҳəм аспанда Өзиниң оң жағына отырғызды. Қудай Масихты барлық ҳəкимшилик ҳəм бийликтен, пүткил қүдирет ҳəм ҳүкимдарлықтан тек усы заманда емес, ал келешек дəўирде де аталатуғын ҳəмме атлардан жоқары қойған» (Еф. 1:20–21) күшти билиўимизди қəлейди. Ол бизлердиң Ийсаның ҳəлсиз емес, ал бизлерден күшли екенин (2 Кор. 13:3–3а қараң), «Ол ҳəлсиз болып атанақ ағашта шегеленсе де, ҳəзир Қудайдың қүдирети менен жасап атырғанын» ҳəм сондай-ақ бизлер де өзлеримиздиң ҳəлсизликлеримизге қарамастан Қудайдың күши менен жасап атырғанымызды (2 Кор. 13:4-қа қараң) түсиниўимизди қəлейди. Қудай бизлердиң «Қудайдың бизлерге берген мийримли сыйларын билиўимиз ушын, бизлер бул дүньяның руўхын емес, ал Қудайдың Руўхын қабыл еткенимизди» (1 Кор. 2:12) билиўимизди қəлейди.
Мен саған Қудайдың қандай күшке ийе екенин ямаса бизлерде жасап атырған Мухаддес Руўхтың қалай ҳəрекет етип атырғанын түсиндире алмайман. Бул мениң мүмкиншиликлеримнен жоқары. Бирақ мен сени бир нəрсеге исендирмеўим керек емес, себеби буны Мухаддес Руўхтың Өзи ислейди. Ийса: «Әкемниң Мениң атымнан жиберетуғын Жубатыўшысы, Мухаддес Руўх сизлерге ҳəммесин үйретеди. Ол Мениң сизлерге айтқанларымның ҳəммесин еслериңизге түсиреди» (Юх 14:26), — деп айтты. Бирақ алдын сен Мухаддес Руўхты мойынлаўың ҳəм Оннан өзиңниң өмириңе тəсир етиўин сораўың керек.
Бирақ, бизлер тек Ийсаны өзимиздиң Қутқарыўшымыз деп мойынлаған ўақтымызда ғана Мухаддес Руўхтың күши менен жасай аламыз. «Жəне де, сизлер ақыл-ойға сыймайтуғын усы сүйиспеншиликти билип, Қудайдың пүткил толылығына толып барыўыңыз» (Еф. 3:19) керек. Егер бизлер Ийсаны өмиримиздиң Патшасы деп мойынласақ, бизлер Оның «бизлерде ҳəрекет етиўши қүдирети менен, Қудай бизлердиң тилеген ҳəм ойлаған ҳəр бир нəрсемизди артығы менен ислей алатуғын күшке ийе» (Еф. 3:20), соның Өзи екенин биле аламыз. Өзлеримиздеги Қудайдың Мухаддес Руўхының ямаса Оның күшиниң ҳəрекетиниң арқасында Қудай бизлерге ойымызға келтире алмайтуғындай жарылқаўды бере алады. Бундай артықмашылық саған қалай унайды?
Мухаддес Руўхқа толыў бизлердиң еркимизге қарсы болмайды — бизлер Қудайға ашылысыўымыз керек, бизлер Оны қəлеўимиз керек, бизлер Оннан сораўымыз керек. «Солай етип, өзлериңиз жаман бола тура, өз балаларыңызға жақсы сыйлар бериўди билсеңиз, аспандағы Әке де Өзинен сорағанларға Мухаддес Руўхты бериўи сөзсиз» (Лк. 11:13). Бизлерде таңлаў ҳуқықы бар: Мухаддес Руўхқа толыў ямаса керисинше. Бул ҳаққында бизлер Қудайдан сораўымыз керек.
Мен Мухаддес Руўх ҳаққында түрли тəлимлерге терең кетпекши емеспен, өйткени олар конфессия сыяқлы сондай көп. Мен тек бир нəрсе ҳаққында сорайман. Қудайдың Мухаддес Руўхын Қудайдың күшиниң көриниси деп мойынла ҳəм Қудайдың сен ушын таярлап қойған ҳəмме нəрсесин ала алыўың ушын Қудайдан өзиңди Мухаддес Руўхына толтырыўын сора. Мухаддес Китапта: «…Мухаддес Руўхқа толың» (Еф. 5:18), — деп айтылған. Егер бизлер Мухаддес Китаптың сөзине бойсыныўшы болсақ, өмиримиз дурысланады.
Өзиңди Қудай қалай жаратқан болса,сондай болыў ушын күш-қуўат
Бүгинги күнде исениўши ҳаяллардың көбирек саны өзлерин Қудай қандай етип көриўди қəлесе, сондай болыўға имканиятын алады. Олар Қудайға хызмет етеди ҳəм өзлерине тəғдир дусластыратуғынлардың өмирин өзгертеди. Олар өзлерине жəрдем беретуғын ҳəм олардың алдында барлық қапыларды ашатуғын Қудайдың күшине сүйениўди үйренеди. Бул ҳаяллар Қудайдың нийетиниң əҳмийетли бөлеги екенин түсинеди, олар айрықша хызметти орынлаўға шақырылғанын түсинеди. Бəлким, олар өз өмириниң мақсетин еле анық көрмейтуғын шығар, бирақ олар өз хызметиниң басқа адамларға жарылқаў алып келетуғынына ҳəм Қудайды алғыслайтуғынына исенеди.
Өзлериниң арналыўын орынлаўға таяр ҳаяллардың бундай күшли руўхый раўажланыўының себеби бүгинги күни көпшилик еркеклердиң исенимде өсип өзлерине таярланған басшы ҳəм руўхый басшы орнын ийелеўинен қуралған. Бунда бизлер көпшилик ҳаяллардың дуўаларына жуўапты көремиз ҳəм бүгинги күнде бизлердиң ўазыйпамыз — Қудайға алғыс айтыў. Ҳаяллар руўхый қəўендерликке мүтəж. Егер ҳəммеси бойсыныў, жақсылық, ҳүрмет ҳəм түсиниўшилик жағдайында исленсе ҳəм егер пəслетилиў, менменлик, өзин ойлаўшылық, жаўызлық, қопаллық ҳəм бийпарўалыққа орын болмаса, онда ҳаял өзин қəўипсизликте сезеди. Өмиримизде дурыс тəртипти орнатыў — мине бизлердиң талпыныўымыз керек болған нəрсе.
Мухаддес Китапта «…ҳаял өзиниң бийлик астында екенин көрсетиў ушын, басын жабыўы керек» (1 Кор. 11:10) — руўхый бийлик деп аталған. Ҳәр бири өзлериниң үстине жоқарыдан қойылған бийликке бойсыныўға миннетли. Қудайлық тəртиби усындай. Егер бизлер Оның ерки менен бийликке ийе болған, бизлердиң қорғаныўымыз ҳəм əўметимиз ушын өмиримизге қойылған адамларды тыңламасақ, онда Қудай бизлерге жарылқаўын төкпейди. Бойсынбайтуғын адамға исениў ушын Қудайдың бийлиги жүдə қымбатлы ҳəм уллы (бул ҳаққында қәўетерлениўдиң кереги жоқ — бул ҳаққында дуўа етиў керек, буның менен бизлер 9-бапта шуғылланамыз).
Қудайдың ўəделери
Көбинесе бизлер Қудайдың өзлеримиз ушын таярлап қойғанын ала алмаймыз, себеби Оның бизлерге не бериўди қəлеўин түсинбеймиз. Бизлер Қудайдың өзлеримизге көп ўəделер бергенин билемиз, бирақ егер олардың неден ибарат екенин билмесек, бизлерде өзимиздиң өмирлик жолымыздың анық көриниси болыўы мүмкин емес. Мухаддес Китапта «Қудайлық қүдиретке ийе Ийса Масих Өзин билиўимиз арқалы жасаўымыз ҳəм Қудайдың жолы менен жүриўимиз ушын, бизлерге керекли болған ҳəмме нəрсени берди. Ол бизлерди Өз уллылығын ҳəм ийгилигин алыўымыз ушын шақырды. Қудай Өз уллылығы ҳəм ийгилиги арқалы бизлерге жүдə үлкен ҳəм қымбатлы ўəделер берди. Солай етип, бул ўəделер себепли сизлер дүньядағы жаман қəлеўлерден қутылып, қудайлық тəбиятқа шерик боласызлар» (2 Пет. 1:3–4), — деп айтылған.
Бул ўəделер бизлердиң ақылымызда ҳəм жүреклеримизде сақланыўы керек: себеби бизлер оларға қаншелли терең исенсек, өмирде бизлер соншелли əўметли боламыз. Ал, бул шайтан бизлерди Қудайдың ўəделеринен айырыўға ҳəрекет етип атырғаны себепли де əҳмийетли, өйткени ол бизлердиң өзлеримиз ҳаққындағы ҳақыйқатты билиўимизди қəлемейди. Қудайдың ўəделерине туппа-туўры жабысып алыўымыз ҳəм оларды бар күшимиз бенен услаўымыз керек.
Дəл соның ушын усы китаптың ҳəр бир бабының ақырында, ҳəр бир баптың тақырыбына тийисли мухадес китаплық аятлар жыйналған бөлим жайластырылған. Мен усы баҳасыз барлық гүманлар, бизлерге берилген ҳақыйқатларда жоқ болыўы ушын барлық кеўилсизликлердиң көз алдында усы ўəделерди бар даўысыңыз бенен жəриялаўымызды жүдə қəлеймен. Қудайдың ўəделериниң ҳəр бирин оқып түсинип, бул аяттың сен ҳəм сениң өмириң ушын анық қандай əҳмийетке ийе екенин түсиниўге ҳəрекет ет. Онда жеке өзиңе тийислисин табыўға ҳəрекет ет. Мысалы, «азғырылмаўыңыз ушын, сергек болып дуўа етиңлер! Руўх қəлейди, бирақ дене ҳəлсиз» (Мт. 26:41), — деген аят. Бул жерде гəп, егер сен дуўа етип ҳəм ҳəммесин дыққат пенен гүзетсең, онда азғырылыўға ҳеш ўақытта түспейтуғының ҳаққында айтылып атыр.
Бирақ көплеген жағымлы ҳəм қуўанышлы ўəделердиң қатарында бизлер ушын қатаң ескертиў еситилетуғынлары да бар. Қудай бизлерге: «Егер сизлер буны ислесеңиз — сый аласыз, ал егер оны ислемесеңиз — сизди жаза күтип тур», — деп ескертеди. Қудай Өзиниң барлық ўəделерин орынлайтуғын болғанлықтан, олардың ҳəр бирин жүдə жақсы билиўимиз керек.
Алға қозғалыўға ўақыт
Бирдей көринетуғын өмиримизге қарамай онда бәрҳа бир нəрсе болады. Буны сен сезесең бе, жоқ па, бирақ сен ҳеш ўақытта бир орында турмайсаң: я алға жүресең, я артқа жүресең. Күнде сен я Масихқа көбирек ямаса азырақ уқсап барасаң. Қудайдың изине ерип бийтəреп жағдайды ийелеў мүмкин емес. Себеби мен бул китапты бизлер сениң менен бирге тек алға жүриўимизге жəрдем бериў ушын жазыўды шештим. Мен бир күни азанда турып ҳəм өмиримизде Қудайдың исин ислеў ушын ылайықлы тийкарды сала алмағанын ямаса дуўаларым арқалы жаратылған тийкарды сақлай алмағанымды түсинип ояныўды қəлемеймен. Мен бизлердиң алға жүриўимизди, ал бул қозғалыс бизлердиң сүйикли Ийемиз бенен тығыз қатнаста болыўын қəлеймен. Мен өзлеримиздиң арналыўымызды билиўимиз ҳəм усы билимге сəйкес ислеўимиз ушын Қудайға жүреклеримиз жаныўын қəлеймен. Ол бизлерге жүдə көп нəрсени бериўди қəлегени менен гəп Қудайдан жарылқаў алыў ҳаққында емес, ал Қудайдың барлығына кириў ҳəм Қудайға Өзиниң барлық толықлығында бизлердиң алдымызда ашылыўына жол бериў ҳаққында кетип атыр.
Егер бизлер Қудайдың сөзине тийкарланып ҳəм Мухаддес Руўхтың басқарыўы астында жасасақ, онда бизлер дурыс орында ҳəм дурыс ўақытта екенимизге ҳəм Қудай Өзиниң минсиз нийетин əмелге асырып атырғанына исенимли болыўымыз мүмкин. Бизлер Оның өзлеримизге мол жарылқаўын төгиўине исенимли бола аламыз. Солай етип, алдыға қарай ма?
Мухаддес Жазыўда «Соның менен бирге, Мухаддес Руўх та ҳəлсиз болған бизлерге жəрдем береди. Өйткени бизлер қалай дуўа етиў кереклигин билмеймиз. Бирақ, Мухаддес Руўхтың Өзи сөз бенен айтып жеткизе алмайтуғын нала шегип, бизлер ушын Қудайдан өтиниш етеди» (Рим. 8:26), — деп айтылған. Қудайым, дурыс ҳəм исениўим керек болғанындай жетерлише жийи дуўа ете алмайтуғынымды түсинемен, бирақ мен Мухаддес Руўхтан мен ушын өтиниўин сорайман. Өзимниң ҳəлсизликлеримди жеңиўиме жəрдем бер. Маған Өзиң ҳаққыңда еле билмейтуғын нəрселеримди аш.
Мени ҳəм мениң өмиримди өзгерте алатуғын Сениң күшиңе өзимниң мүтəж екенимди жүдə қатты сеземен. Мен жемиссиз өмирде жасаўды қəлемеймен — мен руўхый тараўда жеңимпаз болыўды қəлеймен. Мениң Өзиңе тийисли болыўым ушын Сен қымбат қун төледиң. Маған усы билимге сай жасаўға жəрдем бер. Сен мени бағытлайсаң ҳəм маған Өзиңниң нийетиңе тийкарланып ислеўге жəрдем бересең. Сен маған шайтанды жеңиўге күш бердиң. Усы туўралы есте тутыўға маған жəрдем бер. Сен маған күш бериў ушын Мухаддес Руўхты жибердиң. Сениң усы ўəдең мениң өмиримде орынлансын. Сен маған өмир бердиң, себеби мени сүйдиң. Сени де сондай сүйиўге маған жəрдем бер.
Қудайым, өзимниң барлық үмитлеримди Саған беремен. Мен Саған қараўдың орнына, алдын өз мүтəжликлеримди қанаатландырыўды дүньядан излегениме тəўбе етемен. Мен билемен: тек Сен мени мақсетли жеккелик ете аласаң, себеби мен тек Саған мүтəжбен. Өзимниң барлық ҳəзирги ҳəм өтмиштеги қəлеўлеримниң орынланыўы Сенде қуралған. Мен бəрҳа өзимниң күшим менен емес, ал өзимде жасап атырған Сениң Руўхыңның күши менен жасаўды маған үйрет. Бул туўралы умытқаным ушын мени кешир. Маған руўхый жетилисиўге жəрдем бер. Маған мақсетли ҳəм ақыллы жеккелик — Өзиң қойған мақсетке алға жүретуғын Сениң ҳақыйқый балаң болыўыма жəрдем бер.
«Биз елшилер усы ғəзийнени ылай ыдыс сыяқлы болған денемизде алып жүрмиз. Бул уллы қүдиреттиң бизлерден емес, ал Қудайдан екенлиги көринип тур»
«Масихтың атанақ ағашы ҳаққында сөзлер набыт болатуғынлар ушын ақмақлық, бирақ қутқарылатуғын бизлер ушын Қудайдың қүдирети»
«Бирақ, Ийемиз маған: «Саған берген мийримим жетеди. Себеби Мениң қүдиретим ҳəлсизлик арқалы толық көрсетиледи, — деди. Сонлықтан, Масихтың қүдирети менде болсын деп, мен ҳəлсизликлериме еле де көбирек қуўанып, олар менен мақтана беремен»
«Қудай Ийемизди өлимнен тирилтти. Сол сыяқлы, Ол бизлердиң денемизди де Өз қүдирети менен тирилтеди»
«Әкемнен сизлерге Мен жиберетуғын Жубатыўшы, яғный Әкемнен шығатуғын Ҳақыйқат Руўхы келгенде, Ол Мен туўралы гүўалық береди»
БИРИНШИ БАП
Қудайды билместен алдын мен түрли шығыс динлерине берилдим ҳəм «Жаңа əсир» қозғалысында қатнастым. Ҳəр бир исенимде мен өмирдиң мəнисине ерисиўге үмит етип Қудайды излейтуғын едим. Мен өзимниң изимнен балалықтан ерип жүрген руўхый аўырыў, қорқыныш ҳəм депрессиядан азат болыўды үмитсиз аңсайтуғын едим. Мен Қудайдың бар екенин сезетуғын едим. Егер мен Оған тек жақынласыўға сазаўар болғанымда еди, онда, бəлким, мениң өмирим Оның уллылығының нурында өзгерген болар еди.
Әлбетте, менде ҳеш нəрсе болмайтуғын еди, себеби мен изинен қуўған қудайлар узақ ҳəм суўық болып қалатуғын еди. Мениң депрессиям, жаўыз, мени пəслеткен ҳəм маған қорқыныш келтирген деп айтпағанда мени бийпарўа ана тəрбиялағаны себепли күшейди. Кейин ала онда психикалық бузылыў болғаны анықланған ўақытта, мен оннан алған барлық қайғыларымды кеширдим. Буған қарамастан, мени өзимди өлтириўге ийтермелеген үмитсизлик ҳəм қапашылықтан туншығатуғындай шыдап болмайтуғын аўырыў қарлы кесек сыяқлы балалықтағы еслеўлер маған қулады.
Өмиримниң дəл сол қəўипли дəўиринде 28 жасымда мен ҳақыйқый Қудайды билдим ҳəм Масихты өзимниң Қутқарыўшым деп тəн алдым. Усылай етип, мен əрман ете алмаған азат болыў, шыпаланыў ҳəм қайта тиклениў барысы басланды.
Ийемиз жүрегиме киргели ҳəм мен Оның күшин өмиримде сезгели берли мен алдын қызыққан басқа барлық динлерди бирлестиргенимди — олардың қудайлары қутқарыўға ҳəм адамның өмирин өзгертиўге ҳəлсиз екенин түсиндим. Тек Мухаддес Китаптың Қудайы бундайды жарата алады. Ол — жалғыз, ҳақыйқый, тири Қудай. Бизлер Оны таўып ҳəм Оны өмиримизге мирəт еткен ўақтымызда Оның Руўхы бизлерге киреди ҳəм бизлерди ишимизден өзгертиўди ҳəм өмиримизде əжайып өзгерислерди ислеўди баслайды.
Сондай-ақ, мен Оны табыўға ҳəм билиўге болатуғын Қудайдың Өзи екенин билдим. Бизлерге жақынласыўды қəлейтуғын Қудай. Соның ушын Ол «Қудай бизлер менен» дегенди билдиретуғын Еммануил деген атты алып жүр. Бирақ Ол бизлерге тек Оған жақынласыўға талпынған ўақтымызда ғана жақынласады (Яқ 4:8-қа қараң).
Егер мен сениң қасыңда отырып ҳəм сениң өмириң ҳаққында сөйлесе алғанымда еди, мен саған: «Егер сен Қудайға исенген болсаң, онда сениң барлық машқалаларыңның шешиминиң гилти Қудайдың Мухаддес Руўхының сениң ишиңде жасап атырғаны себепли сениң ишиңде турыпты. Тек ғана Ол сени басқарады ҳəм билиўиң керек нəрселердиң ҳəммесин саған үйретеди. Ол сени ҳəм сениң өмириңди өзгертеди ҳəм саған түсиңе де кирмеген сонша жарылқаўды төгеди. Бирақ бул егер сен өзиңе сүйениўди тоқтатып ҳəм Оған өмириңде Өзине унайтуғын ҳəм Өзине унаған ўақтында ислеўине жол қойған жағдайыңда ғана жүз береди», — деп айтқан болар едим.
Бул жерде гəп Қудайға «ылайықлы» болыў туўралы емес, себеби бизлердиң ҳеш биримиз буған уқыплы емеспиз. Бул жерде гəп өзиңе Қудайдың минсизлигин қабыл етиў ҳаққында, ҳəм Қудайға жақынлаў ҳəм қасыңда Оның барлығын сезиў ҳаққында, Оның менен тығыз қарым-қатнас ҳəм Оның жолларында жүриў ҳаққында — сени мақсетли жеккелик қылатуғын қатнас ҳаққында кетип атыр.
Мен сениң нени қəлейтуғыныңды билемен
Соңғы үш-төрт жылда мен өзимниң оқырманларым менен ушырасыў ушын Америка Қурама Штатлары бойлап көп сапарға шықтым. Мен барған барлық жерлеримде олардың тийкарғы мүтəжликлерин ҳəм қəлеўлерин анықлаў ушын, яғный, олардың ҳəммесинен көбирек қандай қоллаў дуўасына мүтəж екенин түсиниў ушын ҳаяллардың арасында сораў—жуўап өткердим. Сол ўақытта мен өзимниң Дуўа еткен еркектиң күши атлы китабым ушын мағлыўмат жыйнап атыр едим. Соралғанлардың жуўаплары мени таң қалдырмайтуғын еди, бирақ мени ҳаяллардың өзлериниң қəлеўлеринде бир пикирли болғаны ҳайран қалдырды. Сораўда қатнасқан барлық ҳаяллардың баслы мүтəжлиги руўхый өсиў ҳəм анық, пүткил өмирди өзгертетуғын Қудайдың жолларына ериў болды. Мен сораўды тоқтаттым, себеби ҳəмме жерде жуўаплар бирдей еди. Көринис маған анық еди!
Мен сениң де маған ҳəм басқа көпшилик ҳаялларға уқсап, Қудай менен терең, жақын, сүйиспеншиликке толы қатнасты излеп атырғаныңа исенемен. Кери жағдайда сен бул китапты оқымаған болар едиң. Сениң жаның жақынлықты, қатнасты ҳəм сени қандай болсаң, сондай сүйетуғынына исенимлиликти ҳəм сени қəдирлеўин аңсайды. Бирақ усы барлық жарылқаўлардың таўсылмайтуғын булағы тек Қудайда жасырынған. Жүрегиңниң сырлы қəлеўлери тек Қудай менен тығыз қатнас барысында орынлана алады, себеби Оннан басқа ҳеш ким сениң жүрегиңниң тереңлигин көрмейди, сени Оған қарағанда көбирек билмейди ҳəм сүймейди. Бул сениң сезимлериң ҳəм тəсирлениўлериңнен жоқары қандай да көбирек нəрсеге тоймайтуғын умтылыўшылық, бул сениң жақынларыңнан толтырыўды излейтуғын ишки бослық-буның ҳəммеси саған Оның Өзи сениң руўхый ашлығыңды қанаатландырыўы ҳəм жаныңның бослығын толтыра алыўы ушын Қудайдан салынған.
Қудайға бизлердиң Өзин аңсаўымыз унайды. Бул талапты тек түсиниўдиң өзи бизлерди азат етеди. Бизлердиң азатлығымыз бизлердиң өз қəлеўлеримизди, жалғызлығымызды, руўхый бослығымызды дурыс баҳалаўды үйрениўимизде ҳəм оларда өзлеримиздиң Оған қушақ ашып барыўымыз ҳəм Оннан бизлерди Өзи менен жəне де көбирек толтырыўын сораўымыз ушын Қудай менен жақынлыққа қатты мүтəжлигимиздиң белгисин көриўимизде көринеди. Бирақ бизлердиң ийе болыўды соншелли қəлеген Қудай менен беккем байланысымыз өз-өзинен пайда болмайды. Ол ҳаққында дуўа етиў, оны сақлаў ҳəм оған ғамхорлық етиў зəрүр. Соның ушын бизлер ол ҳаққында бəрҳа дуўа етиўге ҳəм оны абайлап қорғаўға миннетлимиз.
Қудайдың жолына садықсызлықтың бес тийкарғы белгиси
1. Егер сен Қудайдың изинен тек Оның сен ушын ислей алатуғыны ушын жүрсең, демек сен Оның жолларында жүрген жоксаң. Егер сен Оған унамлы нəрсени билиўге ҳəм Ол ушын қолыңнан келетуғын нəрсени ислеўге бəрҳа талпынатуғындай Оны соншелли сүйсең, онда сениң Оның менен қатнасыңыз беккемленеди.
2. Егер сен Қудайға тек аўыр жағдайларда ямаса бир нәрсеге қатты мүтәж болған жағдайларыңда ғана дуўа етсең, демек сен Оның жоллары менен жүрген жоқсаң. Егер сен тек ғана Оның барлығында болыўды сүйетуғының себепли күнине көп мəрте дуўа етип Оның менен сөйлессең, онда сениң Оның менен қатнасың беккемленеди.
3. Егер сен Қудайға қапа болсаң ямаса Ол сениң барлық қәлеўлериңди орынламай атырған ўақытта Оннан кеўлиң қалған болса, демек сен Оның жолларында жүрген жоқсаң. Егер сениң өмириңдеги жағдайлардың қалай қəлиплесиўине қарамастан Қудайға алғыс-мақтаў айтсаң, онда сениң Оның менен болған қарым-қатнасың беккемленеди.
4. Егер сен Қудайды тек ғана Оның өзиңе ислегенлери ушын сүйсең, демек сен Оның жолларында жүрген жоқсаң. Егер сен Оны Ким болғаны ушын сүйсең ҳəм ҳүрмет етсең, онда сениң Оның менен болған қарым-қатнасың беккемленеди.
5. Егер сен Қудайды өзиңниң дегениңе жетисиў ушын өтинишлериң менен бийзар етемен деп ойласаң, демек сен Оның жоллары менен жүрген жоқсаң. Егер сен Қудайдың Өзиниң ерки бойынша сениң дуўаларыңа жуўап беретуғынына исенсең, онда сениң Оның менен болған қарым-қатнасың беккемленеди.
Қудай менен жалғыз қалыў
Егер Оның менен жалғыз қалып ўақытты өткериўге талпынбасақ, бизлер ҳеш ўақытта Қудайға жақынласпаймыз, Оны терең билмеймиз ҳəм Оның менен (сондай аңсаған) жақын қарым-қатнасларды дүзе алмаймыз. Күш, жаңарыўды аламыз ҳəм өмиримизди Оның көзи менен көре аламыз ҳəм ҳəзирги ўақытта өзлеримиздиң көбирек неге мүтəж екенимизди түсине аламыз. Тек усындай жағдайда ғана бизлер өзлеримиздиң Кимге тийисли екенимизди ҳəм Кимге исенетуғынымызды түсине баслаймыз.
Қудай саған жүдə көп нəрсени айта алады. Бирақ, егер сен күнделикли тиришиликтеги тынымсызлықты таслап ҳəм Оның менен қарым-қатнаста болыўға ўақыт таппасаң, сен Оның саған не айтып атырғанын еситпейсең. Ийса Қудай менен оңашада көп ўақытты өткерди. Егерде Ийса усылай ислеген ҳəттеки, Ол буны сөзсиз ететуғын еди, ондай болса бизлер ҳаққымызда — бул бизлер ушын қаншелли əҳмийетли ҳəм керекли екенин айтыўдың не кереги бар!
Мен дуўа етиў ушын ўақыт табыўдың қаншелли жеңил болмайтуғынын билемен. Буны ислеў əсиресе адамзат əўладының душпаны буған түрлише тосқынлық еткен ўақтында қыйын болады. Бирақ егер сен дуўа етиўди өмириңде биринши орынға қойсаң ҳəм ол ушын анық ўақытты белгилесең: мысалы, əдетте əҳмийетли ўақыяларды белгилейтуғын өзиңниң календарыңда белги ислесең ҳəм өзиңниң күнделикли дизимиңе Қудай менен ушырасыўды киргизиўге шешим қабыл еткен болсаң, онда сен өзиңниң дуўаларыңа таң қаларлық жуўапларды аласаң.
Билип қой: егер сен аз дуўа етсең, өмириңде тез өзгерислерге үмит етпе. Өмириңниң үлкен океан кемеси бурылыўы ҳəм қарамақарсы тəрепке бағытланыўы ушын ўақыт талап етиледи. Ол сениң тек рульди бурыўды баслаған ўақтыңнан өзиниң бағытын өзгерте алмайды. Бəлким, алдын сен қандай да өзгеристи көрмеўиң мүмкин. Бул сол сен дуўа етиўди баслаған ўақтыңда жүз береди. Дуўа етиў сениң өмириңди толық өзгертиўге уқыплы, бирақ бул оны тек айтыўдан дəрриў болмайды. Өзиңниң дөгерегиңде өзгерислерди көриўди баслаўыңнан алдын сеннен дуўа етиўде турақлылық талап етиледи. Бул бир жөнли ҳəм оған түңилиўдиң кереги жоқ. Тез арада сен дурыс бағытта, толық тезликте ҳəрекетлениўди баслайсаң. Жийи адамлар сынатуғын ўақыт келип ҳəм дуўаларына жуўап келместен алдын жеңиледи. Бул дем алыс дəўириндеги əпиўайы түр емеслиги, тыныш гавани бойлап кеўил көтеретуғын жүзиў сапары емеслигин, ал өзиңниң тəғдириңе қарсы туўры өмирдей узын саяхат екенин есте тутың. Бул жерде бағыныў альтернативалы болыўы мүмкин емес.
Қудайды атлары менен ата
Саған атлардың есте турмайтуғынлығынан қолайсыз жағдайға түсиўге туўра келди ме? Мениң менен бундай болды. Маған бир ўақытта көпшилик адамлар менен сəўбет өткериў қыйын. Егер жалғыз қатнаста болсам, мен адамның атын аңсат еслеп қаламан, бирақ маған бир кешеде көп атларды ядлаў қыйын. Буның себебинен менде машқалалар пайда болады. Қудай менен ондай емес. Ол жалғыз, бирақ Оның атлары жүдə көп. Егер бизлер Оның атларын билмесек, онда Оның минезиниң жүдə көп тəреплерин биле алмаймыз.
Қудайдың бастан-аяқ жүзлеген атлары бар, бирақ бизлерге бир нешесин еслеп қалыўдың өзи де қыйын болады. Айырым ўақытлары бизлер керекли атты бизлерге ҳəммесинен көбирек талап етилетуғын ўақытта умытамыз. Мысалы, бизлер Қудайды өзлеримиздиң аспандағы əкемиз сыпатында қабыл етемиз, бирақ Оның сондай-ақ бизлердиң Күйеўимиз ҳəм Достымыз екенин умытамыз. Ямаса бизлер Онда Жубатыўшыны көрип ҳəм Оның бизлердиң Қутқарыўшымыз екенин есте тутпаўымыз мүмкин. Бəлким, бизлер Оны өзлеримиздиң Жолдасымыз сыпатында қабыл етип, бирақ Оның бизлердиң Шыпалаўшымыз екенин есте тутпаўымыз мүмкин. Айырым адамлар, ырасын айтқанда, бизлер ҳеш қандай қутқарылыўға ылайықлы болмасақ та Қудайға тек өзиниң Қутқарыўшысы сыпатында қарайды. Бирақ Қудай бизлер ушын үлкенирек нəрсе болыўды қəлейди: бизлердиң Өзиниң жеккелигиниң барлық шеклерин билиўимиз Оған унайды, себеби Қудайға қатнасымыз өмиримизге тəсир ететуғын болады.
Мухаддес Китапта еслетилетуғын Қудайдың ҳəр бир аты Оған исениўди үйрениўимиз ушын барыўымыз керек болған белгиленген ўақытты көрсетеди. Сен Ол — сениң Қорғаның (Заб 17:2-қа қараң) екенине исенесең бе? Ол — сениң Тынышлығың (Еф. 2:14-қа қараң) екенине не? Қайғы дəўиринде сениң басыңды жоқарыға көтеретуғын Сол екенине не (Заб 3:4-қа қараң)? Ол сен ушын тазалаўшы силти суўы болып табыла ма (Мал 3:2–3-қа қараң)? Сениң Даналығың ба (1 Кор. 1:24-қа қараң)? Сениң Қутқарыўшың ба (Заб 16:7-қа қараң)? Сениң Төсегиң бе (Ере 50:6-қа қараң)? Оның барлық атлары мухаддес ҳəм бизлер бул ҳаққында есте тутыўымыз керек.
Мен Лос-Анджелесте шоу-бизнесте ислеген ўақтымда «Ийса» деген ат күнине көп мəрте түрли ҳүрмет, сүйиспеншилик ямаса мəнисин түсинбей ашыў менен айтылатуғынын еситетуғын едим. Тек мен Ийсаға исенген ўақтымда усы аттың, егер оны урысыў сөзи сыпатында пайдаланса қандай ғарғыс бола алатуғынын түсиндим. Қудайдың атын қурыдан-қуры еске алыў Он ўəсияттың бирин бузады: «Қудай Ийеңниң атын орынсыз айтпа. Өзиниң атын орынсыз қолланғанларды Жаратқан Ийе жазасыз қалдырмайды» (Шығ. 20:7). Қудайдың атын қурыдан-қуры айтып адам сондай-ақ Қудайдың: «Ийең болған Қудайыңды пүткил жүрегиң, пүткил жаның, пүткил ақылойың ҳəм пүткил күшиң менен сүй» (Мк 12:30), — деген уллы буйрығын бузады. Қудайды сүйетуғын адам Оның атын ойланбастан ҳеш ўақытта айтпайды.
Бирақ дəл усы — сүйиспеншилик ҳəм ҳүрмет пенен айтылатуғын Ийса деген ат қутқара алатуғын, шыпалайтуғын, ҳəммениң мүтəжлигин тəмийинлейтуғын, қорғап ҳəм басқа да көп нəрселерди ислейтуғын уллы күшке ийе. Ал, оны асығып-албырап ҳəм ойланбастан айтқан усы барлық жарылқаўлардан айырылады. Қудайдың ҳəр бир атында уллы күш қуралған ҳəм ол исеним, сүйиспеншилик, түсиниўшилик ҳəм жүрек тасқынлаўы менен айтылса жарылқаў алып келеди ҳəм исенимди беккемлейди.
Мысалы, Қудайдың атында зəрүр болғанда бəрҳа пана табыўға болады: «Ийемиздиң аты беккем қорған, əдил сол жерге барып аман-есен болады» (Сул. 18:10). Егер сен аўырыў болсаң, Шыпалаўшыға жуўыр; егер төлемлерди төлей алмасаң, ҳəммесин қарастыратуғынға мүрəжат ет; егер қорқсаң Панаңа жуўыр; егер гүңгирт ўақытларды бастан өткерип атырған болсаң, Мəңгилик Нурға бурыл. Ҳүрмет ҳəм миннетдаршылық пенен Қудайдың атын айтып сен Қудайдың өзиң ушын ҳəм Азат етиўши, ҳəм Қутқарыўшы, ҳəм Мəңгилик Нур, ҳəм Шыпалаўшы болыўын сорайсаң. Бизлер Қудайда мүтəжликлеримиздиң толыў булағын көрмегени себепли өмиримизде көп нəрседен айырылғанбыз. Егер Қудайды өзиңниң Шыпалаўшың деп мойынламасаң, қалай сен шыпалана аласаң?
Төмендеги келеси дизим Қудайдың отыз атынан қуралған, бирақ Оның сөзинде Оның жүзлеген атлары келтирилген. Ол жалғыз Қудай, бирақ бизлер ушын Ол онда жүрип Оның жеккелигиниң түрли шеклерин биле алатуғын көплеген жолларды қарастырған. Ол Өзине бизлерге кишкене жанзатларға жəрдем беретуғын, Оны — уллы Қудай сыпатында билиўге көп атларды берди. Мен саған ҳəр сапары, Мухаддес Китаптан Қудайдың таза атын ушыратқаныңда оны белгилеўди ямаса шетине белги қойыўды, ямаса оны əлле қашан бар болған атлар дизимине қосыўды мəслəҳəт етемен. Бул саған Қудайдың сен ушын Ким болыўды қəлейтуғыны ҳаққында есте тутыўға жəрдем береди. Усы дизимди оқып атырып, Қудайды пүткил өмириңди биротала өзгертиўи ушын Оны ҳəр бир атының таза шегин ашатуғын Оның жеккелигиниң таўсылмайтуғын көп түрлилиги менен өмириңде пайда болыўына мирəт ет.
Қудайдың отыз аты
1. Шыпалаўшы (Заб 102:3-қа қараң).
2. Кешириўши (Ийш 59:20-қа қараң).
3. Азат етиўши (Заб 69:6-қа қараң).
4. Қорған (Заб 42:2-қа қараң).
5. Қорғаўшы (Ио 3:16-қа қараң).
6. Дос (Юх 15:15-қа қараң).
7. Жақлаўшы (1 Юх. 2:1-қа қараң).
8. Жанды беккемлеўши (Заб 22:3-қа қараң).
9. Мәңгиликтиң Әкеси (Ийш 9:6-қа қараң).
10. Сүйиспеншилик (1 Юх. 4:16-қа қараң).
11. Тәўеллеши (2 Тим. :5-қа қараң).
12. Қайғы күнинде пана (Нах 1:7-қа қараң).
13. Өмир наны (Юх 6:35-қа қараң).
14. Қатлам (Заб 31:7-қа қараң).
15. Мәңги Нур (Ийш 60:20-қа қараң).
16. Беккем қорған (Сул. 18:10-қа қараң).
17. Төсек (Ере 50:6-қа қараң).
18. Ҳақыйқат Руўхы (Юх 16:13-қа қараң).
19. Даўылдан қорған (Ийш 25:4-қа қараң).
20. Мәңгилик өмир (1 Юх. 5:20-қа қараң).
21. Иегова-ире[3] (Жар 22:14).
22. Тынышлық (2 Сал. 3:16-қа қараң).
23. Тири суў (Юх 4:10-қа қараң).
24. Қалқан (Заб 143:2-қа қараң).
25. Күйеў (Ийш 54:5-қа қараң).
26. Жәрдемши (Евр. 13:6-қа қараң).
27. Әжайып, мәсләҳәтши (Ийш 9:6-қа қараң).
28. Шыпалаўшы (Шығ. 15:26-қа қараң).
29. Үмит (Заб 70:5-қа қараң).
30. Жубатыўшы (Рим. 15:5-қа қараң).
Егер сен ўақты-ўақты усы дизимди көрип шығып ҳəм Қудайға өзиң ушын Ким болып табылатуғынына миннетдаршылық билдирсең, сен исенимиңниң қалай тез өсип атырғанына ҳəм Қудайға қаншелли жақын болатуғыныңа таң қаласаң.
Сениң Өзиңниң нийетиңди орынлай алыўың ушын өзимди Сениң қолыңа беремен. Мен өмиримдеги Сениң ҳəрекетиңди шеклейтуғын барлық мүмкиншиликтен бас тартаман. Мен ҳəзирдиң өзинде Сен — мениң Шыпалаўшы, Азат етиўши, Кешириўши ҳəм Жубатыўшымсаң деп жəриялайман. Бүгинги күнде мен Саған… (Қудайдың атларының бирин ата) сыпатында айрықша мүтəжбен. Сениң мен ушын Сол болыўыңа исенемен.
Қудайым, маған Сениң менен күнде қатнаста болыў ушын ўақыт табыўға ҳəм усы мақсетке ерисиўге, тосқынлық ететуғын ҳəмме нəрседен бас тартыўға жəрдем бер. Мени Өзиңе унайтуғындай дуўа етиўге үйрет. Қудайым, күнде маған Өзиң ҳаққыңда таза нəрсени аш. Сен: «…Ким де ким шөллесе, Маған келип ишсин» (Юх 7:37), — деп айттың. Мен Сени аңсайман, себеби Сенсиз мениң кеўлим бослыққа толы! Мен Саған Сениң Руўхыңның булағының тереңлигинен ишиў ушын келемен.
Сениң ҳəмме жерде екениңди билемен, бирақ Сениң ҳəзирге қарағанда да маған жақырынырақ бола алатуғыныңды да билемен. Соның ушын Сеннен алдыңғыдан да бетер Сениң барлығыңда сондай анық бола алыўым ушын мени Өзиңе жақын етиўиңди сорайман.
«Қудайға жақынласыңлар, сонда Ол да сизлерге жақынласады. Ҳəй, гүнакарлар, қолларыңызды гүнадан тазалаңлар! Ҳəй, еки ойлылар, жүреклериңизди пəклеңлер!»
«Мен Әкемнен сорайман ҳəм Ол сизлер менен мəңги бирге болыўы ушын басқа Жубатыўшыны жибереди. Ол — Ҳақыйқат Руўхы. Дүнья Оны қабыл ете алмайды. Өйткени Оны көрмейди де, танымайды да. Бирақ сизлер Оны билесизлер. Себеби Ол сизлер менен бирге жасайды, Ол ишиңизде болады»
«Ҳəй, кишкене пада, қорқпа! Әкеңиз сизлерге Патшалықты бериўди мақул тапты»
«Ҳəзирге дейин, сизлер Мениң атым менен ҳеш нəрсе сорамадыңлар. Сораңлар, аласызлар, сонда қуўанышыңыз толы болады»
«Өзлеримиз ашық мойынлаған үмитимизди екиленбей беккем сақлайық. Себеби ўəде берген Қудай садық»
ЕКИНШИ БАП
Алдыға жүриўден алдын мен айырым нəрселерди түсиндириўим керек. Гəп бизлердиң ҳеш биримиздиң минсиз емеслигимизде. Адамлардың ҳеш қайсысы гүна ислеўден қамсызландырылмаған. Ҳеш ким Қудайдың жəрдемине мүтəж болмайтуғындай жетискен емес. Ҳеш ким…
Астапыралла! Бул жүдə анық!
Илтимас, бул ҳаққында билмегеним себепли айтып атыр деп ойлама. Керисинше, мениң не ҳаққында айтпақшы екенимди сен әлле-қашан билетуғындай маған түйилип атыр. Мен бул ҳаққында тек саған бизлердиң ҳәммемиз билетуғынымызды еслетиў ушын айтып атырман. Соның ушын бизлер өз-өзимиз ҳəм бир-биримиз бенен ашық бола аламыз.
Мен усы китапты оқыўда сенде өзиңнен мүмкин болмаған үлкен мақсетлерге жетиў талап етилип атырғандай тəсирлениў пайда болыўын қəлемеймен. Бул китап қалай минсизликке жетиў ҳаққында емес, ал Қудайға бизлерге үлги болыўға қалай мүмкиншилик бериўи ҳаққында. Мен қандай да нəтийжелерге қалай ерисиў ҳаққында емес, ал өзлеримиздиң өмиримизди басқара алмайтуғынымыз ҳаққында айтып атырман. Бул китап қалай Қудайдың ҳүкиминен қашыў ҳəм əўметке ериспеген жағдайда өзиңди əўметсиз сезбеў туўралы емес, ал Қудайдың сүйиспеншилигиниң толықлығын қалай сезиў ҳəм оған бизлерде раўажланыўына жол қойыў ҳаққында. Бул китап өзгериўге үйретпейди, ал сениң ҳақыйқатында ким екениң ҳаққында айтады. Бирақ, алдын сен өз-өзиң менен ҳəм Қудай менен абсолют ҳақ болыўды үйрениўиң керек.
Пүткил дүньядағы ҳаяллар толық өмирде жасаўды əрман етеди. Олар Қудайдың жарылқаўының қатламы астында, бирақ усының менен Қудайдың еркине бойсынып ҳəм Қудайдың ўəсиятларын орынлап жасаўды қəлейди. Олар Қудайдың ҳақыйқатында екиленбей турыўды ҳəм соның менен бир ўақытта қайғыға түскен басқа адамларға қайырхом ҳəм рейимли болыўды қəлейди. Олар Қудайды терең билиўди ҳəм Мухаддес Руўхтың күши өзлерин өзгертиўин қəлейди. Бирақ, егер өмиринде жақсы өзгерислерди көрмесе ҳаяллар өзлерине ҳəдден зыят қатаң болады. Олар өзлерин ҳүким етеди ҳəм өзлериниң əўметлерине жақтырмай қуўанады.
Соның ушын мен сениң «жүректи тазалаў» деген шақырықты «патас» жүрегиңди гиналағандай етип қабыл етиўиңди қəлемеймен. Қудай Өзиниң жарылқаўларын ақыр-ақыбет саған төге алыўы ушын сениң жүрегиңди ҳəм жолларыңды туўрылаўға шақырады. Келешекте сен ушын белгиленген əҳмийетли иске Қудайдың сени қалай таярлап атырғанын гүзет.
Бул мүмкин болыўы ушын өмириңди дыққатлырақ изертлеў, күш жыйнап ҳəм: «Қудайым, жүрегимде, ойымда, руўхымда ҳəм пүткил өмиримде болмаўы керек нəрселерди көрсет. Маған өзим түсинбеген нəрсемди аш, қəтелеримди көрсет, мени менменлик, көкиреклик, қорқыныш, қəўетер ҳəм тəшиўишлениўдиң түрли көринислеринен азат ет, маған өзим ҳəм өзимниң өмирим туўралы ҳақыйқатты билиўиме жəрдем бер. Қудайым, маған ҳақыйқатты аш. Мен оны қабыл ете аламан. Маған қəтелеримди туўрылаўға, өтирикти ҳақыйқатқа өзгертиўге жəрдем бер ҳəм өмиримде ўақыттың сынақларына шыдайтуғын өзгерислерди исле», — деп айтыў керек.
Усындай етип дуўа етиў ушын батырлық жыйнаў керек. Бəлким, буның ушын саған өзиңде барына қарағанда көбирек батырлық талап етилетуғын шығар. Егер саған Қудайды жүрегиңе киргизиўге Оның онда көретуғынынан қорққаның себепли күшиңниң ерки жетпесе, онда Қудайдан өзиңе батырлық ҳəм ер жүреклилик бериўин сора. Егер сен өмириңде жақсы өзгерислер болыўын қəлесең, саған өзиңди тазалайтуғын ҳəм мүмкиншиликлериңди кеңейтетуғын Мухаддес Руўхтың ҳəрекетине «жасыл шырақ» жағыўыңа туўра келеди. Саған өз-өзиңе қатнаслы түрли қəтелесиўден өзиңди сақлаў ушын Оны өзиңниң жүрегиңе киргизиўиңе туўра келеди. Сен Қудайдан өзиңде таза жүректи жаратыўын сораўың керек. Бул жағдайда келеси еки қəдемди ислеўге таяр бол:
1. Қудайдың алдында өзиңе көрсеткен барлық гүналы ойларың ҳəм қылмысларыңда тәўбе етиў.
2. Тəўбе еткен нарселериңди мойынлаў.
Өзиңниң гүнакарлығыңды шын жүректенмойынлаў
Егер сен қатара адам өлтириўши болмасаң ҳəм банкти тонаўда ҳеш ўақытта қатнаспасаң, мениң мойынлайтуғын ҳеш нəрсем жоқ деп ойлама. Егер сен бир неше жылдан берли Қудайдың жолларында жүрип, екшемби күни азанда ҳəм сəрсенби күни кеште ибадатханаға баратуғын болсаң, барлық дуўа етиў жыйналысларында болсаң, онда тəўбе ететуғын ҳеш нəрсем жоқ деп ойлама. Гүна бəрҳа анық. Мысалы, сен қашан болса да Қудайдың Өзиниң ўəделерин орынлаўына гүманланасаң ба? Қудайға гүманланыў — гүна. Сен қашан болса да қандай да адам ҳаққында өсек тараттың ба? Өсеклер — гүна. Бөлисиўди улыўма қəлемейтуғын нəрсеңди сораўынан қорқып сен адамлар менен қатнастан шетлеўди қəледиң бе? Өзин ойлаўшылық — гүна. Сен қашан болса да басқа адамға жақтырмаўшылық сездиң бе? Сүйиспеншилик пенен болмаған ҳəмме нəрсе гүналы.
Гүнаны ислеўге жүз процентли кепиллик бериў мүмкин емес. Сонлықтан тəўбе етиў сондай əҳмийетли. Егер бизлер өзлеримиздиң гүналарымызды, қəтелеримизди ҳəм алжасыўларымызды мойынламасақ, бизлер Қудайдан узақласамыз ҳəм дуўаларымызға жуўап ала алмаймыз. «…Сизлердиң əдалатсызлықларыңыз сизлердиң ҳəм Қудайыңыздың арасында бөлиниўди келтиреди ҳəм сизлердиң гүналарыңызды еситпеўи ушын Оның жүзин сизлерден бурады» (Ийш 59:2).
Гүналарымызды мойынламай, бизлер Қудайдан жасырыныўды, яғный, Эден бағындағы Адам-ата ҳəм Ҳаўа-енениң изинен жүриўди баслаймыз, себеби Оның жүзине туўры қарай алмаймыз. Бирақ Қудайдан жасырыныў мүмкин емес. Мухаддес Китапта бизлердиң тек ғана сырлы ислеримиз анық болып қоймастан, ал бизлердиң барлық сырлы ойларымыз ҳəм сөзлеримиз де ашылатуғыны айтылған. «Ашылмайтуғын ҳеш қандай сыр, билинбейтуғын ҳеш қандай жасырын нəрсе жоқ. Сонлықтан, қараңғыда айтқаныңыз жақтыда еситиледи, бекитиўли қапы артында қулаққа сыбырлап айтқаныңыз тамлардың төбесинен жəрияланады» (Лк 12:2–3). «Жаратылған ҳеш бир нəрсе Қудай алдында жасырын емес. Оның көз алдында ҳəр бир нəрсе ашық ҳəм аян. Бизлер усы Қудайға есап беремиз» (Евр 4:13).
Қандай қорқытатуғын ой! Егер ҳəр биримизге өзлеримиздиң барлық қылмысларымыз ҳаққында есап бериў күтип турған болса, онда бизлер Қудайдың алдында ҳəммесин қаншелли тез ашсақ, соншелли жақсы. Ҳақыйқаттан да, Қудай бизлерге көринбейтуғынларын соншелли тез ашады. Бирақ тек Қудай ғана ҳəр биримизде жəне қанша гүна қалатуғынын биледи.
Гүна бəрҳа ақыбетке ийе. Бул ҳаққында ҳəммесинен жақсырақ өз гүнасына тəўбе еткен ўақытта Даўыт патша былай деген: «Гүнамды айтқым келмеди, сонда аяқ-қолым сырқырап, күни бойы ыңқылдап жүрдим. Себеби күни-түни Сениң қолың зилдей болып мениң үстимде жатты. Сол ўақытта жаздың ыссысы күйдирген көк шөпке уқсап солып қалдым» (Заб 31:3–4).
Мени терең жаралайтуғын сөзлерди жийи жүзиме айтқан күйеўиме жеркениш сезген ўақтымды еслеймен. Өзимде алып жүрген ғəзеп ҳəм өкпе маған қатты аўырыўды келтиретуғын еди. Мен гүналы сезимлеримди мойынлаўды қəлемейтуғын едим, себеби өзимде ақланыў бар деп, ал тек күйеўим айыплы деп есаплайтуғын едим. Бирақ, ақыр-ақыбет мен кимге болса да ғəзеплениўдиң гүна екенин түсиндим ҳəм өзимниң күйеўиме деген жеркенишимди гүна деп мойынладым. Сол ўақыттың өзинде мен аўырлықтың қалай денемнен кеткенин сездим. «Қəҳəриңнен денемде саў жерим жоқ, гүнамнан жанымда тынышлық жоқ. Ислеген гүналарым басымнан асты, аўыр жүктей денемди жерге таслады. Ақмақ ислеримниң себебинен жараларым ириңлеп, ийисленди» (Заб 37:4–6). Өмир барлық машқалаларға қоса денениң аўырыўы менен қыйналыўсыз-ақ аўыр.
Гүнадан аўырырақ ҳеш нəрсе жоқ. Бизлер оның аўырлығын бизлерди бойсындыратуғын ҳəм жанымызды өлтиретуғын оның пүткил күшин сезбегенше түсинбеймиз. Бизлер оның бузыўшы күшин бизлердиң Қудай менен ортамызда қойылған дийўалға басымызды урамағанша ылайықлы баҳалай алмаймыз. Соның ушын өзимизге белгили ҳəр бир гүнаны мойынлап, жүреклеримизди тазалап ҳəм мүмкиншилиги болғанша тезирек Қудайдың алдында ҳақ болып турғанымыз жақсы. Тəўбе етиў гүнаны өлшейди ҳəм оны Қудайдың алдында əшкаралайды. Өзимиздиң гүнамызды мойынлап, бизлер Қудайға ҳеш қандай таза нəрсени хабарламаймыз, өйткени Ол бизлердиң жəрдемимизсиз ҳəммесин биледи. Ол тек сен өзиңниң гүнаңды өзиң мойынлаўыңды қəлейди.
Бирақ тəўбе етиў — бул əпиўайы кеширим сораў емес, себеби кеширим сораўды ҳəмме биледи. Көпшилик адамлар бул өнерди жақсы өзлестиреди. Ал, бул оларда усы тараўдағы бай тəжирийбесиниң нəтийжесинде сондай жеңил болыўы мүмкин. Олар өзлериниң «кешириңлерин» оңға ҳəм шепке аңсатлық пенен береди, себеби өзлериниң жолларын өзгертпейди. Олар «кешириң» сөзин өзиниң айыбын ҳеш сезбей айтады. Бул сөзлери мəниске ийе болмаған белгили дəрежедеги тəжирийбелик. Анық тəўбе етиў болса гүнаңды оған келеси толық өкиниў менен мойынлаўды нəзерде тутады.
Терең мойынлаў
Бир гəп — Қудайдың нызамын бузыўда өзиңниң қылмысыңды мойынлаў ҳəм улыўма басқасы — усы гүнаны енди ҳеш ўақытта қайта ислемеўди шын жүректен шешип келгениңе терең өкиниўди сезиў. Бул тəўбе етиўдиң өзи. Тəўбе етиўдиң ақыры пикирлеўдиң өзгериўине апарып соғады; ол бир жүз сексен градусқа бурылыўды нəзерде тутады. Тəўбе етиў — демек ислегениңе терең өкиниўди көрсетиў ҳəм усыған уқсас нəрсени енди ҳеш ўақытта ислемеўди беккем шешиў. Тəўбе етиў — демек өзиңниң наҳақлығыңды түсиниў ҳəм гүнаңды мойынлаў. Тəўбе етиў бизлердиң өзимиздиң гүнамызға қатты, шексиз, аўырыққа шекем өкиниўди, бизлердиң оннан жүз бурып ҳəм кетиўимизди нəзерде тутады.
Солай болса да тəўбе етиў бизлердиң енди ҳеш ўақытта гүна ислемеўимизди аңлатпайды — ол бизлердиң енди басқа ҳеш қашан гүна ислемекши емеслигимизди аңлатады. Солай екен, егер саған бир гүнаға қайта-қайта тəўбе етиўге ҳəм оған өкиниўге туўра келсе, онда буны ислеўге қорқпа. Душпанға мойныңа отырыўға ҳəм сениң қулағыңа айыплаўларды сыбырлаўына жол қойма. Душпанды ийниңнен ылақтырып ҳəм жеңиске ерисиўиң ушын қанша керек болса, сонша рет гүнаңды мойынла ҳəм тəўбе ет. Мына: «Бəлким, Қудай мени басқа кеширмейтуғын шығар: себеби мен усы гүна ушын өткен ҳəптеде кеширим сораған едим», — дегендей ойдың өзиңди бийлеп алыўына жол қойма. Яқ, Ол сениң гүналарыңды Өзиниң алдында тəўбе еткен ўақтыңда ҳәр сапары сени кеширеди. «Әдалатсыз ислери кеширилген, барлық гүналарынан ақланған ҳəр бир жан қандай бахытлы!» (Заб 31:1). Гүналарыңа Қудайдың алдында өкинип, сен өмириңди тийкарғы усылда өзгерте аласаң.
Қудайдың ўəсиятларын бузған ўақтыңда ҳəр сапары белсенди болатуғын душпанның өзиңе жаўыз соққыны бере алмаўы ушын тəўбе етиўди ҳеш ўақытта кейинге қалдырма, себеби «гүнаның төлеми — өлим» (Рим. 6:23), — деп жазылған. Қудайдан күнде өзиңе жүрегиңнен неде патас екенин ҳəм Оның алдында əдалатсыз екенин көрсетиўин сора. Өзиң ушын Қудайдың таярлаған жарылқаўларынан сени нениң болса да узақластырыўына жол қойма.
Қудайым, Сен «жүректиң сырларын билесең» (Заб 43:22). Маған өзим билмейтуғын жүректиң сырларын аш. Мениң ойларымның, сөзлеримниң ямаса ислеримниң қай жеринде тəўбе етилмеген гүна жасырынғанын маған көрсет. Маған анық көре алыўым ушын өзим туўралы ҳақыйқатты аш. Мениң жанымды изертле ҳəм өзим туўралы түсиниўим керек болған нəрсени аш. Мен Саған унамсыз, мəниссиз ҳəм зыянлы болған əдетлерден азат болыўды қəлеймен. Маған өзгериўим керек жерде өзгериўге жəрдем бер. Барлық гүналарымды мойынлап ҳəм оларға өкине алыўым ушын көриўим керек нəрсеге мениң көзимди аш. Мен қолларымды ҳəм жүрегимди Сениң Өз сөзиңде буйырғаныңдай тазалаўды қəлеймен (Яқ 4:8-қа қараң).
Мен Сеннен өтинемен: «Шексиз сүйиспеншилигиңе бола, Қудайым, маған реҳим ет. Мийримиңниң моллығына бола қылмысларымды өширип тасла. Мени əдалатсызлығымнан узақластырып, гүналарымнан биротала тазала» (Заб 50:3–4). «Қудайым, жүрегимди тазала, руўхымды беккем қылып, жаңарт» (Заб 50:12–13). «Өзиниң терис ислерин ким көреди? Тазарта гөр мени сырлы гүнамнан» (Заб 18:13). «Жобаларыңнан рəҳəтленемен, олар маған бəрҳа ақыл береди» (Заб 138:24). Мени Өзиңниң алдыңда əдил ҳəм таза ет. Барлық гүналарым жабылыўы ушын маған Сениң кеширимиң керек (Елш 3:19-қа қараң).
«Егер гүналарымызды мойынласақ, садық ҳəм ҳақ Қудай гүналарымызды кеширип, бизлерди ҳəр қандай жаманлықтан тазалайды»
«Ҳəй, сүйикли туўысқанларым, егер кеўлимиз бизлерди айыпламаса, онда Қудайдың алдында батыр боламыз ҳəм Оннан не сорасақ та аламыз. Себеби бизлер Оның буйрықларын орынлап, Оған унайтуғын нəрселерди ислеп атырмыз»
«Саған сонда гүнамды ашық айттым, əдалатсызлықларымды жасырмадым, Жаратқан Ийеге гүналарымда мойынлайман дедим, Сен сонда барлық гүнамды кеширдиң»
«Солай етип, тəўбе етиңлер ҳəм гүналарыңыздың жуўылыўы ушын Қудайға қайтыңлар. Сонда Жаратқан Ийемиз сизлерге рəҳəтлениў ўақытларын береди ҳəм сизлер ушын алдын ала тайынланған Масихты, яғный Ийсаны жибереди»
«Өзиниң гүнасын жасырған жеңиске ериспейди, оларды тəн алып, ўаз кешкен жарылқаў табады»
ҮШИНШИ БАП
Анам маған жаўыз еди, ал əкем болса ондай емес. Масихый болып, мен анамды кеширдим. Бирақ көп жыл өткеннен кейин Қудай маған əкемди еле кеширмегенимди ашып береди. Жанымды толтырған қəўетер ҳəм қапашылық ҳаққында масихый психологқа айтып берген ўақтымда, меннен əкеме өкпелеп жүрмен бе, соны сорады, мен яқ деп жуўап бердим. Неге өкпелеўим керек? Себеби ол мени қапа қылмайтуғын еди. Бирақ руўхый жетекшим меннен дуўа етиўди ҳəм Қудайдан барлық ҳақыйқатты ашыўын илтимас етиўди сораған ўақытта, тосаттан көз жас ағысында меннен барлық ашыў, өкпе ҳəм аўырыў ақты. Жанымның түпкиринде əкемниң маған жəрдем бериўге келмегенин, қутқармағанын есимде сақлап жүрген болып шықтым. Ол анамның мени жийи қамап қоятуғын шоланнан бир мəрте болса да шығармаған еди. Мен өзимде анамның психикалық бузылыўын билсем де, маған бийпарўа болып қалған əкеме деген өкпениң соншелли көп жыйналғанын билмейтуғын едим. Бирақ сол күни мен оны кеширгенимде, алдын ҳеш ўақытта билмеген сондай тынышлықты жанымда сездим.
Жүдə жийи бизлер кекшил екенимизди билемиз. Бизлер кеширип билемиз деп ойлаймыз, бирақ ҳақыйқатында бул ондай емес. Егер бизлер Қудайдан өзлеримиздиң кекшиллигимизди ашыўын ҳəм оны бизлерге көрсетиўин сорамасақ, онда бизлер оның набыт етиўши шеберлигинен ҳеш ўақытта азат бола алмаймыз. Бизлердиң əдиллигимиз үлкен дəрежеде кешириўди билиўимиз ҳəм қəлеўимиз бенен белгиленеди. Бул болмаса бизлер Қудайдың өзлеримизге ўəде еткен мийрасын ҳеш ўақытта ала алмаймыз.
Дурыс таңлаўды ислеў
Бизлер «жек көриў» сөзин билемиз, оның күшиниң тəсирин билемиз ҳəм əдетте оны пайдаланбаўға ҳəрекет етемиз. Бизлерге өзлеримиздиң басқа адамды ҳақыйқаттан жек көриўимиз мүмкинлиги ҳаққындағы ойдың өзи жағымсыз. Бирақ кекшиллик — жек көриўшиликтиң тамыры. Егер өзлеримиздиң қапашылықларымызды таслап ҳəм кешириўди қəлемесек, бул сезимлер жек көриўшиликке айланады. Ийса бул сораўға жүдə қатаң қатнаста болды. Ол: «Туўысқанын жек көрген ҳəр бир адам — адам өлтириўши. Ҳеш бир адам өлтириўшиниң мəңгилик өмирге ийе емес екенин билесизлер» (1 Юх. 3:15). «Дуўа етип турғаныңызда биреўге өкпели болсаңыз, оны кешириң, сонда Аспандағы Әкеңиз де сизлердиң гүналарыңызды кеширеди» (Мк 11:25–26), — деп айтты.
Келиң, пикирлеўимизге айырым анықлықты киргизейик. Кеширмейтуғынлар мəңгилик өмирге ҳəм Қудайдың өзлериниң гүналарын кешириўине үмити жоқ өлтириўшилер деп аталған. Мен былай айтар едим: егер кеширим ҳəм кекшилликтиң арасында таңласақ, онда жақсы түрин, яғный, кеширимди таңлаўымыз керек.
Кекшилликти таңлап, өзлеримизди қараңғылықта жүриўге сазаўар етемиз (1 Юх. 2:9–11-қа қараң). Өмиримиздиң анық көринисине ийе болмай, бизлер сүрнигемиз ҳəм бағдарымызды жоғалтамыз. Бул бизлерди жолдан урады ҳəм қəтелесемиз. Сол ўақытта ҳəлсизликлер бизлердиң үстимизде болады, аўырыўлар келеди ҳəм жүрекке қайғы киреди. Бул əтираптағылар ушын көринетуғын болады, себеби бизлерге өзлеримиздиң сезимлеримизди жасырыў келиспейди. Болып атырған нəрсениң негизин билмей турып, əтирапымыздағы адамлар бизлердиң жасырын өкпемизди сезеди ҳəм оларға бизлердиң топарымыз қолайсыз болады. Егер бизлер кешириўди шешсек, буннан тек өзлеримиз емес, ал бизлерди қоршаған адамлар да утады.
Биринши қəдем — жақынларымызды кешириўдиүйрениў
Өзиңниң жақынларыңды кешириў қыйын, себеби олар бəрҳа бизлердиң қасымызда, бизлерди басқалардан жақсырақ биледи ҳəм бизлерди басқаларға қарағанда аўыр жаралаўға уқыплы. Бирақ дəл соның ушын бизлердиң жақын адамларымызды кешириўди билмеўимиз бизлерге үлкен қайғыларды алып келеди. Солай екен, барлық кеширим өзиңниң шаңарағыңнан басланады.
Ҳəммесинен бурын бизлерге Мухаддес Китаптың анық ескертетуғынындай ата-анамызды кешириўимиз керек. Он ўəсияттың бесиншиси: «Ата-анаңды сыйла! Жаратқан Ийе өзиңе беретуғын елде узақ өмир сүриўиң ушын усылай исле» (Шығ 20:12), — деп айтады. Өзиңниң əкеңди ҳəм анаңды ҳүрмет етпей, сен өзиңниң өмириңди қысқартасаң, бирақ сен оларды кеширмей турып, оларды ҳүрмет ете алмайсаң.
Анамды кешириўге шешим қабыл етип, мен Оның ўəделери өмиримде орынланыўы ушын Қудайға бойсыныўшы болыўды қəледим. Бəлким, буны мен ислей алған шығарман — мениң жасыма қызығыў жетерли. Бирақ, бир күни анамды кешириў машқаланы улыўма жоқ қылыў дегенди билдирмейтуғын еди. Көп жыллар даўамында мениң жанымда өкпе ҳəм ғəзептиң толық қатламы жыйналды ҳəм маған оны усы қатламның биреўи жоқарыға көтерилген ҳəр сапары оны кешириўге туўра келетуғын еди. Маған оны бəрҳа кешириўге туўра келетуғын еди, өйткени жыл сайын оның минези көбирек бузылды.
Егер бизлер бир күни өзлеримиздиң қандай адамды болса да кешириўди қəлемеўимизди мойынлаған болсақ, бул еле келеси сапары да дəл соны ислеўимизге туўра келетуғынын билдирмейди. Соның ушын кешириў — күнде кекшиллик ҳəм мийримниң ортасында таңлаўды билдиреди. Бизлер басқа адамды буны қəлеў яки қəлемеўимизден ғəрезсиз кешириўди шешемиз. Бул сезим емес — бул шешим қабыл етиў. Егер бизлер өзлеримизде кешириў кейпияты қашан пайда болатуғынын күтетуғын болсақ, онда бизлер оны өмиримиздиң ақырына шекем күтетуғын боламыз. Егер бизлер кимге болса да жақтырмаўшылықты сезсек ҳəм усы адамның келтирген аўырлығынан қыйналып атырған болсақ, онда бунда бəрҳа бизлердиң айыбымыз бар, себеби бизлер усы аўырықтан қутылыўға шешим қабыл етпедик. Қудайдың алдында өзиңниң кекшиллигиңди мойынлаўға бəрҳа таяр болыў — бизлердиң ўазыйпамыз ҳəм тек оны орынлап, бизлер Оннан кешириўди ҳəм жасаўды даўам етиўди үйретиўин сорай аламыз.
Сондай-ақ, бизлер Қудайдан өзлеримиздиң туўысқанларымыздан жəне кимди кешириўимиз кереклигин көрсетиўин сораўымыз керек. Бизлердиң кекшилликтиң қайғысына толған адамлар болыўға ҳуқықымыз жоқ (ырасында да, айырым ўақытлары бизлер ашыўшақ боламыз, бирақ бул басқа нəрсе). Бирақ бизлердиң дəрежемиз Қудайдыкинен айтарлықтай төмен болғанлықтан, бизлер көбинесе кешириўимиз талап етилетуғын жағдайды көрмеймиз. Қудайдан өзиңе қайсы туўысқанларыңа еле қапа екениңди көрсетиўин сора. Сен кешириўди үйренбегениңше тынышлыққа ийе бола алмайсаң.
Егер сен кешириўге ҳəлсиз болсаң
Кешириў бəрҳа аңсат емес. Айырым ўақытлары буны ислеў өзлеримизге келтирилген қатты аўырық себепли мүмкин емес болады. Егер сен кимди болса да кешире алмасаң, Қудайдан өзиңе жəрдем бериўин сора. Дəл усыны мен анамның өлимине шекем иследим. Ақыр-ақыбет мен оған деген түрли жақтырмаўшылық сезиминен толық азат болдым. Егер сен адамды ҳеш кешире алмасаң, Қудайдан өзиңе оны кешириўге уқыплы жүректи бериўин сора. Усындай дуўаларға Қудайдың жуўап беретуғыны ҳəм жүреклерди жибитиўи таң қаларлы. Бизлер өзлеримизге жаўызлық ислегенлер ушын дуўа еткен ўақтымызда, ғəзебимиз, жеркенишимиз ҳəм аўырықларымыз сүйиспеншиликке өзгереди.
Тəшиўишленбе: бизлердиң кеширимимиз адамларды ҳəм олардың қылмысларын ақламайды — ол Қудай оларды ҳүким ете алыўы ушын оларды Оның қолларына береди. Кешириў өзиниң негизинде өш алыўдың ең тəсирли түри, себеби ол бизлерди усы адамлардан азат етеди ҳəм бизлер өзлеримиз ушын Қудайдың таярлап қойғанын алыў мүмкиншилигине ийе боламыз. Бизлердиң кимди болса да кешириўимиз сол адамның өз айыбын мойынлаўы ямаса мойынламаўына, оның кеширим сораўға ямаса сорамаўға таярлығына байланыслы емес. Егер бул солай болғанында, онда кешириў улыўма мүмкин болмаған болар еди. Бизлер кеўлимизге тийгенниң жүрис-турысына қарамай кешириўди билиўимиз керек.
Айырым ўақытлары өмиримизде өзимизге келтирилген аўырыўдың тереңлигин бир неше жыл даўамында түсинбейтуғындай соншелли қорқынышлы ўақыялар жүз береди. Айырым ўақытлары өзлеримиздиң ислегенлеримиз ушын өзимизди кеширмеймиз ҳəм кейин өзимизди бир нəрсени ислегенимиз ямаса ислемегенимиз ушын бир өмир айыплаймыз. Айырым ўақытлары жүз берген нəрседе бизлер Қудайды айыплаймыз. Қудайдан өзиңе усыған уқсас нəрсе өмириңде болған болса көрсетиўин сора. Қудайдың нийетиниң орынланыў жолында кекшилликтиң қайғысы тосқынлық болыўына жол қойма.
Бул қаншаға турса да
Төрт жүз тоқсан — мине бизлерге кеўлимизге тийген адамды неше мəрте кешириўге туўра келеди! Петр Ийсадан: «…Ийем, маған қарсы гүна ислеген туўысқаныма неше рет кеширим берсем болады? Жети ретке дейин бе? — деп сорады. Ийса оған: Саған жети ретке дейин емес, ал жетпис жердеги жети ретке дейин кеширим ет, деймен» (Мт 18:21–22-ға қараң). Бəлким, саған кимди болса да күнине 490 мəрте кешириўиңе туўра келетуғын шығар, бирақ Қудайға сениң қанша талап етилсе, сонша кеширгениң унайды. Ол сени кешириўди билетуғын адамдай көриўди қəлейди.
Ийса хожайынынан үлкен қарызынан азат болған адам ҳаққындағы тымсалды айтып берди. Бирақ буған қарамастан, бул адам өзиниң достын азғантай қарызын қайтармағаны ушын қамақханаға жиберди. Бул ҳаққында еситип, хожайыны: «…Ҳəй, жаўыз хызметши! Сен маған жалынғаның себепли ғана барлық қарызларыңнан кешкен едим. Мениң саған реҳим еткенимдей, сениң де өз жолдасыңа реҳим етиўиң тийис емес пе еди?» (Мат 18:32–33) — деп айтты. Хожайын сондай ашыўланғанынан сол адамды өзиниң барлық қарызын төлеймен дегенше аўыр жумыс ислеўге жиберди. Ийса: «Егер сизлердиң ҳəр бириңиз туўысқаныңыздың гүнасын шын кеўлиңизден кеширмесеңлер, Мениң аспандағы Әкем де сизлерге солай ислейди» (Мт 18:35), — деп айтты.
Бул жүдə қатаң ескертиў. Бизлердиң Масихқа исенген ҳəр биримизге жүдə үлкен қарыз кеширилген. Соның ушын бизлердиң бир-биримизге қатнаслы жаўыз болыўға ҳуқықымыз жоқ. Қудай: «Ал бир-бириңизге мийирман ҳəм жан ашыр болыңлар. Қудай сизлерди Масих арқалы кеширгендей, сизлер де бир-бириңизди кешириңлер» (Еф. 4:32), — деп айтты. Егер бизлер кеширмесек, өзлеримиздиң жеркенишимиздиң қулы ҳəм өзимиздиң ғəзебимиздиң қурбаны боламыз.
Бизлердиң барлық ислеримиз мəңгиликтиң жағдайы еки өлшем бойынша: Қудайға сүйиспеншилик ҳəм басқа адамларға сүйиспеншилик пенен баҳаланады. Адамларға қарағанда Қудайды сүйиў аңсатырақ, бирақ Қудай биринши ҳəм екинши өлшемниң арасына теңлик белгисин қояды. Жақыныңа деген сүйиспеншиликтиң ең анық көринислериниң бири кешириўди билиў болып табылады. Бизлерге аўырыў келтиретуғын, қапа қылатуғын əдалатсызлықларды кешириў қыйын. Бирақ Қудай бизлерди душпанымызды да сүйиўге үйретеди. Жəне усы жолға Ол бизлерди жетилистиреди (Мт 5:48-қа қараң). Өкпе ҳəм ашыў ушын сылтаў табыў аңсат, бирақ бизлер бул излениўлерди тоқтатыўымыз керек.
Қудай саған сен ушын таярлап қойған нəрсени бергиси келеди, бирақ егер сен басқаларды кеширмесең, сениң руўхый өсиўиң тоқтайды ҳəм Қудай сениң өмириңде ҳəрекет етиўди тоқтатады. Кеширим сениң жүрегиңди ҳəм санаңды Мухаддес Руўх сени еркин басқара алыўы ушын ашады. Сен Қудайды қаттырақ сүйиўди ҳəм Оның сүйиспеншилигин өткирирек сезиўди үйренип атырсаң. Бул болмаса өмиримиздиң мəниси болмайды.
Ислеген барлық қəтелерим ҳəм айыпларым ушын өзимди-өзим кешириўиме жəрдем бер. Ал егер қашан болса да оларда Сени айыплаған болсам, буны Сениң алдыңда мойынлаўыма жəрдем бер. Өзиңниң сөзиңде буйырғаныңдай душпанларымды сүйиўди маған үйрет ҳəм мени ғарғап ҳəм қуўдалап атырғанларды жарылқа (Мт 5:44–45-ға қараң). Мениң жүрегим оған қатнаслы жибиўи ушын мени қапа қылып ҳəм аўырық келтиретуғынлар ушын дуўа етиўиме жəрдем бер. Мен кекшилликтен жүрегим жаўызласыўын қəлемеймен. Мени кешириўге үйрет.
Қудайым, өзимди ата-аналарыма олардың қандай да қылмысы ушын ямаса, керисинше, айырым жағдайларда олардың ҳəрекетсизлиги ушын өкпени алып жүрмен бе маған ашып бер. Мен ата-анама деген ҳүрметсизлигимнен, яғный, Өзиң берген уллы буйрықтың бузылыўынан өмиримниң күнлери қысқарыўын қəлемеймен. Ал, егер мениң туўысқанларым менен арамызда өкпе ҳəм кешириўди қəлемеўден тикленген жат болып кетиў дийўалы турса усы дийўалды бузыўыңды Сеннен өтинемен. Керек ўақтында ҳəр сапары адамларды кешириўиме жəрдем бер. Мүмкиншилиги болғанша қарым-қатнасларында аўырлық ҳəм түсинбеўшилик патшалық ететуғын шаңарағымның басқа ағзаларын жарастырыў қуралы сыпатында мени пайдалан.
Қудайым, мениң жүрегимдеги жасырын гүналарым дуўаларыма тосқынлық етип Сениң менен екеўмиздин арамызда бөгет болыўын қəлеймен. Бүгин мен ҳəммени кешириўди қəлеймен. Мен өмирде кекшилликтиң жүгинен азат болып жүриўди қəлеймен. Егер биреўдиң менде қасты болса оның жүрегин жибит, оған мени кешириўине жəрдем бер ҳəм қатнасларымызды қалай жақсылаўды бизлерге көрсет. Мен кекшилликтиң қараңғылығында жүргенимде басқалар ушын нур бола алмайтуғынымды билемен. Мен Сениң нурда жүргениң сыяқлы нурда жүриўге ҳəм түрли гүнадан таза болыўға шешим қабыллайман (1 Юх. 1:7-қа қараң).
«Басқаларды ҳүким етпеңлер, сонда сизлер де ҳүким етилмейсизлер. Айыпламаңлар, сонда сизлер де айыпланбайсызлар. Кешириңлер, сонда сизлер де кеширилесизлер»
«Ақыллы адам сабырлы болар, Басқаның гүнасын кешириў оған даңқ алып келеди»
«Ал Мениң сизлерге айтатуғыным: душпанларыңызды сүйиңлер, сизлерди қуўдалайтуғынлар ушын дуўа етиңлер. Сонда Аспандағы Әкеңиздиң балалары боласызлар. Өйткени Ол жаманлардың үстине де, жақсылардың үстине де, Өз қуяшының нурын төгеди ҳəм ҳақ адамлардың үстине де, наҳақлардың үстине де, жаўынын жаўдырады»
«Бирақ, туўысқанын жек көриўши қараңғылықта болады. Ол қараңғылықта жүрип қаяққа баратырғанын билмейди. Өйткени қараңғылық оның көзлерин соқыр еткен»
«Егер сизлерге гүна ислегенлерди кеширсеңлер, аспандағы Әкеңиз де сизлерди кеширеди. Ал егер сизлерге гүна ислегенлерди кеширмесеңлер, Әкеңиз де гүналарыңызды кеширмейди»
ТӨРТИНШИ БАП
Мектепте бир семестр даўамында маған жүзиў бойынша сабақларға барыўға туўра келгени есимде. Мен оларды жаман көретуғын едим, себеби олар азанғы 7.30-да басланатуғын еди ҳəм мениң шаш түрмегим бир күн даўамында қайта тикленбейтуғын еди (себеби сол ўақытта еле қолайлы фен жоқ еди). Бизлер қəлеген ҳаўа-райында ҳəр күни жүзиўимиз керек еди, ал қыста болса азанда Калифорнияда суўық болатуғын еди. Сабаққа қатнаспаўдың жалғыз себеби, ол да усы ҳақыйқатты шыпакердиң тастыйықлаўы менен өлетуғындай аўырыў бола алатуғын еди.
Бирақ усы қолайсызлықлардың ҳəммесине қарамастан жүзиў маған унайтуғын еди ҳəм мен жақсы нəтийжелерге ерисетуғын едим. Мен, егер қағыйданы услап ҳəм дəл ҳəрекетлерди ислесем, онда алға жүзе алатуғынымды, суўда жеңил сырғанаўымды ҳəм үлкен бассейинниң арғы шетине тез жете алатуғынымды түсинетуғын едим. Бул жағдайда маған ҳеш нəрсе — қоңсы жоллардағы ебетейсиз жүзиўшилер де кесент ете алмайтуғын еди.
Бул қағыйда масихыйлар ушын да айрықша əҳмийетли. Егер бизлер өмир бойынша əўметли жүзиўди қəлесек, бизлер жүзиўшилерге тəн болғаны сыяқлы дурыс жағдайды қабыл етиўимиз ҳəм жол-жобаға тийкарланып дурыс ҳəрекетлерди ислеўди баслаўымыз керек. Кери жағдайда, аўыр ўақытлар келгенде бизлер оларға шыдайтуғындай жағдайда боламыз. Нəтийжеде бизлер бир орында айланып ҳəм жүзиўде тура алыў ушын мүмкин болмаған күшлерди қосып шаршайтуғын боламыз. Бундай жағдайда бизлер ҳеш қашан ҳеш жерге жүзе алмаймыз.
Егер бизлер Масихтың басшылығы астында дурыс өмирлик жағдайды ийелесек, егер бизлер Оның буйрықларын тыңлап, Оннан үйренсек, онда Мухаддес Руўхтың ағысы бизлерди керекли бағытқа алып барады.
Дурыс ҳəрекетлер ислеў
Қудайдың еркин тек, егер Оның сөзин уғынған жағдайыңда ғана билиўге болады. Егер қайсы ҳəрекетлер дурыс екенин билмесек, бизлер дурыс ҳəрекетлерди ислей алмаймыз. Қудайдың сөзи болып табылатуғын мухаддес өмир китабынан бизлер неге мүтəж болсақ ҳəммесин биле аламыз ҳəм өзлеримизден талап етилетуғынлардың ҳəммесине үйрене аламыз. Бирақ буған қарамастан, бизлерге айырым ўақытлары «суўға секириўге» туўра келеди. Бизлердиң ҳақлығымыздың дəлийли болып бизлердиң нениң дурыс екенин билиўимиз емес, ал бизлердиң қылмысларымыз хызмет етеди. Бир гəп — нени ислеў ҳəм нени ислемеў кереклигиниң дизимин дүзиў ҳəм улыўма басқа гəп — Қудайдың жолларын сүйиў ҳəм оларда жүриўди қатты қəлеўди сезиў. Бир гəп — дурыс өмир ҳаққында оқыў ҳəм улыўма басқасы — дурыс жасаў. Бойсыныў сениң қылмысларыңда көринеди; бойсыныўшы болыўды қəлеў сениң дуўаларыңда көринеди.
Қудайым, маған тəртипли болыўға жəрдем бер
Бул дуўаны мен пүткил дүньядағы ҳаяллардан еситемен. Бизлер не ислеўимиз кереклигин жақсы билемиз, бирақ əдетте бизлерде дерлик ҳеш нəрсе келиспейди. Бизлер Қудайдан бəрҳа дурыс ислеўимиз ушын тəртипли болыўға үйретиўин сораўымыз керек.
Мен дерлик аўызбиршиликли адамман, бирақ бəрҳа бундай болмайды. Бир неше жыл алдын өмиримде ҳəмме нəрсе улыўма басқаша еди — ол ўақытта мен депрессиядан қыйналатуғын едим. Депрессияның басымын өзинде өткерген көпшилик, егер онда мəнисти көрмесең ҳəм оны табыў ушын барлық күшиңди қоссаң да дурыс пикирлеў ҳəм өмириңди дурыс шөлкемлестириў мүмкин емеслигин биледи. Сен əтирапыңда жақсы ҳеш нəрсе көрмейсең, себеби жақсырақ нəрсеге ылайықлы екениңе исенимли емессең. Сен алға қозғала алмайсаң, себеби сениң барлық күшиң жəне бир күнди бастан өткериўге кетеди.
Мен өмиримниң ҳəр бир аспекти ҳаққында дуўа етиўди баслаған ўақтымда, мен Қудайдан күнде Оның сөзин оқыў, дуўа етиў ҳəм бойсыныўда жүриў ушын ўақыт табыўыма жəрдем бериўин сорадым. Мен Оннан өзимди депрессиядан ҳəм Оның жарылқаўларына жолымды тосатуғын ҳəмме нəрседен азат етиўин сорадым. Қудайдың дуўаларыма жуўапларының қандай тез болғанына таң қалған едим. Мен тəртипли ҳəм Қудайға бойсыныўшы болыўға үйрендим. Оның жəрдеми болмағанда менде ҳеш нəрсе келиспеген болар еди, өйткени бул мениң мүмкиншиликлеримниң сыртында еди. Бүгин Қудайдың алдында отыз еки жылдан кейин мен жүрегимнен бойсыныўдың таза дəрежелерин билиўди даўам етип атырман. Мениң денем қартайып атыр, бирақ руўхым жыл сайын жаңарып атыр ҳəм бойсыныўдың ҳəр бир таза қəдеминде мен таза жарылқаўлар ҳəм еркинликти, яғный, алдын өзим ушын қол жетпес болған нəрсени алып атырман.
Сен қутқарылыўды алып ҳеш нəрсеге тəшиўишленбей жасай аламан деп ойлама. Бул турмысқа шығып моншаға барыўды тоқтатыў менен барабар. Әлбетте, усындай етип айырым ўақыт турыўға болады, бирақ бул ис қəўипли ҳəм сениң өмириң буннан анық зыян көриўи мүмкин. Бойсыныўға оқытыў — узақ, айырым ўақытлары пүткил өмирге созылатуғын барыс. Жетиў керек болған бойсыныў дəрежелериниң сансыз түри бар. Сен Қудай менен қырық жыл бирге болсаң да — бул ҳеш қандай əҳмийетке ийе емес, себеби сен бойсынбаўшылықты көрсетип атырған жағдайларды Қудайдың көрсетиўине алдыңғыдай мүтəжсең. Бизлер не ислеў кереклигин билетуғындай ойлап ҳәм Қудайдан неде қәтелесетуғынымызды сораўды тоқтатып қақпанға түсемиз. «…еситкенлеримизден узақлап, жолдан шығып кетпеўимиз ушын, еситкенлеримизге еле де көбирек дыққат аўдарыўымыз керек» (Евр. 2:1).
Бизлер өзлеримизди Қудайға бойсыныўшылықта минсизликке ерискен етип көрсетип ҳеш ўақытта өзлеримизге мақтанбаўымыз керек, өйткени Ол бизлерди руўхый өсиўдиң жаңа басқышына қойып Өзиниң қатламын тынбай көтереди. Бирақ өзиңе: «Мен сондай тəртипсизбен ҳəм оқыўға уқыпсызбан», — деп айтып, ҳəдден зыят кетиўдиң кереги жоқ. Егер Ол Өзиниң еркиниң орынланыўы ушын бизлерге керекли ҳəмме нəрсени ўəде ететуғын болса, бизлер Қудайдың буйрықларын орынламасақ, бизлерге ақланыў жоқ. Сөзсиз бизлер Оннан жəрдем сораўымыз керек. Мине Ол бизлерден қандай сөзлерди күтеди: «Қудайым, Саған бойсыныўшы болыўға ҳəм Сениң еркиң бойынша ҳəрекет етиў ушын тəртипти сақлаўыма жəрдем бер, себеби Өзиң мени жаратқаныңдай адам болыўды қəлеймен». Өзлеримиздиң Масихта ийе болған азатлығымыз Мухаддес Руўхтың жетилистириўши, теңлестириўши ҳəм тазалаўшы ҳəрекетисиз өз билдиги менен жүриўшиликке айланады.
Анық жағдайда Қудайдың еркин орынлаў
Орынлаў ушын өзлеримизге берилген тийкарғы ўəсиятлардан тысқары, бизлер Оның нийетине тийкарланып ана яки мына жағдайда жəне Қудайдың анық буйрықларын орынлаўымыз керек. Ҳəр бир адамда бул өзинше болады. Мысалы, сегиз жыл алдын Қудай күйеўиме ҳəм маған Калифорниядан Теннисиге барыўымызды буйырды. Менде буны ислеўге азғантай болса да қəлеў жоқ еди, буннан тысқары, бундай ой мениң басыма улыўма келмеген еди. Ҳақыйқатында маған өз орным жақсы еди ҳəм оннан қозғалыўды улыўма қəлемеген едим. Бирақ маған Қудайдың анық көрсетпеси берилди ҳəм бизлер бойсындық ҳəм нəрселерди жыйнаўды басладық. Бизлердиң көшип өтиўимиздиң тийкары бир неше жылдан кейин ашылды ҳəм мен сол ўақытта Қудайдың буйрығын еситип ҳəм оны орынлағанымызға қуўанышлыман. Бирақ, егер Оған: «Қудайым, не ислеўимиз кереклигин бизлерге көрсет», — деген өтиниш пенен мүрəжат етпегенимизде, Оның даўысын еситпеген болар едик.
Қудайдан өзиңнен нени күтетуғынын ашып бериўин сораў əҳмийетли. Егер сен сорамасаң, билмейсең. Бул жүдə əпиўайы. Мысалы, Қудай саған жумысты өзгертиўди, қандай да ис пенен шуғылланыўды тоқтатыўды, белгиленген ибадатхананың ағзасы болыўды ямаса əдетленген өмир тəртибин өзгертиўди мəслəҳəт ете алады. Қудай саған нени ислеўди буйырса да, бил, Ол буны саған уллы жарылқаўлар төгилиўи ушын ислейди. Бирақ сен Қудайдың Өз сөзинде саған: «Нызамнан жүз бурғанның дуўасы да жеркенишли» (Сул. 28:9), — деп көрсеткени сыяқлы егер бойсыныўда жүриўди үйренбесең Оның шақырығын еситпеўиң мүмкин.
Өз қəлеўлериңе қарамай ҳəрекет етиў
Ҳəммемизге де қəлемеген нəрсемизди ислеўимизге туўра келеди. Ең əжайып жумыстың да өз кемшиликлери болады. Бирақ өмирде əўметке ерисиўдиң миннетли бөлеги өзиңниң қəлеўлериңе қарсы ислеў болып табылады. Бир нəрсени қəлеўиң бойынша емес, ал зəрүрлиги бойынша ислеп, бизлер өзгеремиз, бул бизлерди Қудай исене алатуғын жуўапкершиликли адамға айландырып тəртиплестиреди. Бизлерге ислеўимиз керек нəрсени емес, ал қәлегенимизди ислегенимиз ушын бəрҳа белгиленген қун төлеўимизге туўра келеди. Егер бизлер өзлеримизге ўəде етилген жарылқаўларды алыўды қəлесек, өзлеримиздиң қəлеўлеримизди қурбан етиўди үйрениўимиз керек.
Егер саған өзиң билетуғындай ислеў қыйын болса, сен Мухаддес Руўхтан жəрдем сорап ислеўиң керек. Әлбетте, биринши қəдемди өзиңе таң қаларлы, гүманлы, қорқытатуғын, қолайсыз ҳəм жағымсыз көринсе де сен ислеўиң керек. «Сизлердиң ишиңизге Өзимниң руўхымды саламан ҳəм сизлер Мениң ўəсиятларымда жүретуғындай ҳəм Мениң кағыйдаларымды тутынып ҳəм орынлайтуғындай ислеймен» (Езе 36:27).
Қудайға бойсыныўшы болыўдың он əҳмийетлисебеби
Қудайға бойсынып жүриў ушын керек болған көплеген себеплердиң арасында баслы биреўи бар: Ол усылай буйырды. Егер басқа ҳеш қандай себеп болмағанда да, усы биреўи де жетерли болар еди. Бирақ бизлердиң бəрҳа есте сақлаўымыз керек болған бойсыныўшылықтың көриниси ушын əҳмийетли тийкарлар да бар. Олардан мен тийкарғы онын айырдым:
1. Бизлер дуўаларымызға жуўап аламыз. «Жүрегимде бар гүнаны мойынламасам, дуўама қулақ аспас еди Жаратқан Ийе. Расында Қудай қулақ түрди маған, сыйынғанымда даўысым жетти Оған» (Заб 65:18–19).
2. Бизлер Қудай менен тығызырақ қатнастан рәҳәтленемиз. «…Ким де ким Мени сүйсе, Мениң сөзимди орынлайды. Әкем де оны сүйеди. Бизлер оған келип, оның менен бирге жасаймыз» (Юх 14:23).
3. Бизлер даналыққа ийе боламыз. «Ол əдиллик ушын қутқарылыўды сақлайды, туўры жүретуғынларға Өзи қалқан болады» (Сул. 2:7).
4. Бизлер Қудайдың дослары боламыз. «Егер сизлер буйырғанларымды орынласаңлар, Мениң досларым боласызлар» (Юх 15:14).
5. Бизлер тынышлыққа ийе боламыз. «Мениң қарарларымды орынлаңлар ҳəм Мениң нызамларымды сақлаң… ҳəм жерде тыныш жасайсыз…» (Леб. 25:18).
6. Бизлер жетилисемиз. «Бирақ Қудайға деген сүйиспеншилик Оның сөзин орынлаған адамда ҳақыйқаттан кəмал табады. Қудай менен бирге екенимизди усы арқалы билип аламыз» (1 Юх. 2:5).
7. Бизлер жарылқаўлар аламыз. «Мине, Мен бүгин сизлерге жарылқаў ҳəм ғарғысты усынып атырман: жарылқаў, егер Ийеңиз болған бүгин сизлерге ўəсият етип атырған Қудайдың ўəсиятларын тыңласаңыз…» (МНқ 11:26–27).
8. Бизлер бахытлы боламыз. «…Қудайдың нызамын орынлаған бахытлы» (Сул. 29:18).
9. Бизлер тынышлыққа ийе боламыз. «Жетик адамға нəзер сал ҳəм əдил адамға қара, Өйткени бундай адамның келешегинде тынышлық бар» (Заб 36:37).
10. Бизлер сабырлылық сыйын аламыз. «Улым сөзлеримди умытпа, ўəсиятларымды жүрегиңде сақла. Олар өмириңе өмир қосады, өмириң тыныш болады» (Сул. 3:1–2).
Тəғдириңе қарай бағыт
Қудайдың нийети бар. Қудай сениң өз өмириңде жүдə əҳмийетли нəрсени ислеўиңди қəлейди ҳəм соның ушын Ол сени тəғдириң менен ушырасыўға ҳəзирдиң өзинде таярлап атыр. Бирақ Қудайдың ўəде еткенин алыў ушын саған бойсыныўда жүриўге ҳəм Оның сениң жолыңды билетуғынына ҳəм саған зыян келтире алатуғын нəрсени ҳеш ўақытта ислемейтуғынына исениўиңе туўра келеди.
Бизлер ушын Қудайдың орнатқан қағыйдалары, бизлерди пəслетиў ушын емес, ал бизлерге жақсы болыў ушын берилген. Егер бизлер оларды орынласақ, бизлердиң өмиримиз əҳмийетли болады, егер орынламасақ — бизлерде ҳəмме нəрсе қулайды. Егер бизлер бойсыныўда жасасақ, жолымызды анық көремиз, егер керисинше болса, онда өмиримизде астан-кестенлик болады. Бойсыныў ҳəм Қудайдың сүйиспеншилигиниң арасында туўры байланыс бар. Қудай бизлерди сүйгени менен, бизлер егер Оның еркин орынламасақ, Оның сүйиспеншилигин сезе алмаймыз.
Сондай-ақ, бизлердиң бойсыныўшылығымыз ҳəм дуўаларымызға жуўаплардың арасында туўры ғəрезлилик бар (1 Юх. 3:22). Егер сен дуўаларыңның жуўапсыз қалып атырғаны себепли қапа болсаң, Қудайдан бул көринис өзиңниң бойсынбаўшылығыңның себебинде жасырынбаған ба екенлигин сораң. Қудайға: «Қудайым, маған Өзиңе неде бойсынбай атырғанымды айт?» — деген сораў менен мүрəжат етиң. Қудайға өзиңниң қəлеўлериң ҳаққында айтпа, ал Оннан Өзи нени қəлейтуғынын ашып бериўин сора.
Сен Қудайдың өзиңди таярлап атырған сол ўақыттың қашан келетуғынын билмейсең. шынында да бəринен бетер саған бир қатар избе-из басқышлардан өтиўге туўра келеди. Сениң ким екениңниң карьера ислейтуғын жалғыз искер ҳаял ямаса балалары еле он жасқа жетпеген көп балалы турмысқа шыққан ҳаял екениңниң əҳмийети жоқ; саған неше жас — 19 ямаса 90 жас екени де əҳмийетли емес. Күнде Қудай сениң уллы хызметиңниң орынланыўына таярлайды. Ол сениң жүрегиңди тазалаўына, сени исенимде беккемлеўине ҳəм руўхый жетилисиўиңе жол бериўиңди қəлейди. Бирақ сен қағыйда бойынша ойнаўға миннетлисең. «Жарысқа түскен адам да қағыйда бойынша жарыспаса, жеңис тажын киймейди» (2 Тим 2:5). Егер бастан-ақ дурыс ҳəрекетлерди ислемейтуғын болсаң, сен əўметке ериспейсең.
Қудайым, мениң жүрегим Саған ҳəмме нəрседе бойсыныўды аңсайды. Саған неде бойсынбай атырғанымды маған көрсет. Егер мен бойсыныўда билмейтуғын қəдемлеримди ислеўим керек болса, ҳақыйқатты көриўим ушын мениң көзлеримди аш ҳəм усы қəдемлерди ислеўге маған жəрдем бер. Сениң жəрдемиң болмаса дурыс ислей алмайтуғынымды билемен, соның ушын илтимас мени Өзиңниң ўəсиятларыңа бойсынып жасаўға үйрет. «Шын жүректен Саған бет бурып келдим, тайдырма мени ўəсиятларыңнан» (Заб 118:10).
Сениң сөзиңде: «Гүнамыз жоқ десек, өз-өзимизди алдаған боламыз ҳəм бизлерде ҳақыйқатлық болмайды» (Юхə. 1:8). Мениң алданыўыма ҳəм Сениң еркиңди билмей, мақсеттиң қасынан өтиўиме жол берме. Маған ислеўим керек нəрсени ислемеген ҳəм ислемеўим керек нəрсени ислеген ўақытларымды көрсет. Жеке өзиме тийисли Сениң буйрықларыңды еситиўиме жəрдем бер. Мениң менен нениң дурыс, ал нениң надурыс екенин айырыўды үйрениўим ушын Өзиңниң сөзиң арқалы сөйле. Мен Мухаддес Руўхты ҳеш нəрседе қапа қылыўды қəлемеймен (Еф. 4:30-қа қараң). Сениң барлығыңның толықлығында жасаў ҳəм Сениң ўəде еткен жарылқаўларыңды алыўым ушын Сениң жолларыңда жүриўди бəрҳа үйрениўме жəрдем бер.
«…Оннан не сорасақ та аламыз. Себеби бизлер Оның буйрықларын орынлап, Оған унайтуғын нəрселерди ислеп атырмыз»
«Себеби Қудай күн менен қалқанға уқсайды, Жаратқан Ийем мийрим менен уллылық береди. Ол туўры жолда жүретуғын адамларды беретуғын ийгилигинен айырмайды»
«Қудайдың буйрықларын орынлаған адам Қудайда, Қудай да онда болады. Оның бизлерде екенин, Оның бизлерге берген Мухаддес Руўхы арқалы билемиз»
«…Қудайдың сөзин тыңлап, оны орынлаўшылар оннан да бахытлы»
«Мениң буйрықларымды билип, оларды орынлаған адам — Мени сүйетуғын адам. Мени сүйген адамды Әкем де сүйеди. Мен де оны сүйип, оған Өзимди көрсетемен»
БЕСИНШИ БАП
Нью-Йоркте 2001-жылы 11-сентябрде қорқынышлы апат болған ўақытта, көпшилик адамлар бир-биринен: «Неге бул жүз берди?» — деп сорады. Қорқынышқа оралған, таң қалған олар жуўап изледи. Бул сораўға көплеген жуўаплар усыныс етиледи, бирақ баслысы: «Бизлердиң душпанымыз бар!», — деп айтылады. Тек ғана Нью-Йорк ямаса Қурама Штатлардың турғынларының душпаны емес, ал Қудайдың иси ушын турған ҳəммениң душпаны. Бул душпан Қудайдың Өзи менен байланысқан ҳəмме нəрсеге қарсы турып ҳəм барлық исениўшилерге ямаса Қудайдың жолында жүриўге ҳəрекет етип атырғанларға ҳүжим етип, жерде Қудайға қарсы урысты алып барады.
Бизлердиң ҳəр биримизде душпан бар — жанларымыздың ҳақыйқый террористи. Егер бизлер буны түсинбесек, бизлер оған өзлеримизди алдаўына жол беремиз. Әлбетте, ол ҳəмме жерде ҳəм ҳəмме нəрсени көриўши емес, ол бизлердиң барлық ойларымызды биле алмайды. Бирақ, егер бизлер душпанымыздың өзиниң мүмкиншиликлеринде шекленген, оның əлле қашан жеңилгени ҳаққында есте тутпасақ, ол бизлерди бəрҳа ҳүким ете алады. Атанақ — ағашта өлип ҳəм қайта тирилип, Ийса Өзиниң душпанын күштен айырды. Атанақ-ағашта жеңиске ерисип, Ол бизлерге: «…Мен сизлерге жыланлар менен шаянларды аяқ асты қылып, душпанның пүткил күш-қүдиретин жеңиўге бийлик бердим. Сизлерге ҳеш нəрсе зыянын тийгизе алмайды» (Лк 10:19), — деп айтып, олардың үстинен бийлик берди.
Бизлер ҳеш ўақытта бағындырмайтуғын адамзаттың душпаны менен руўхый урыстың белсенди қатнасыўшылары болып табыламыз. Өмиримиздеги жаўызлықты адамлар ислегени менен, оның артында бизлердиң баслы душпанымыз — шайтан турғанын есте тутыўымыз керек. «Өйткени урысымыз қан ҳəм еттен ибарат болған адам баласына қарсы емес, ал бул дүньядағы көзге көринбейтуғын ҳəкимлерге, бийлеўшилерге, бул қараңғы заманның күшлерине ҳəм аспандағы жаўыз руўхларға қарсы» (Еф. 6:12). Ҳəттеки, өзлеримизге қарсы адам ҳəрекет еткен ўақытта да, оған қарсы турыўды билиў ушын оның артында турған душпанды билиў керек.
Сондай-ақ, Қудайда болғаны сыяқлы, шайтанның да өз нийети бар. Шайтанның жобасы сени тонаў ҳəм сениң өмириңди бузыўдан ибарат. «Уры тек урлаў, өлтириў ҳəм набыт қылыў ушын келеди. Бирақ Мен олар өмирге ийе болыўы ушын, дəўлетли өмирге ийе болыўы ушын келдим» (Юх 10:10). Ол ҳеш кимди қорқытпаў ушын еки жүзлилик етеди ҳəм сениң қəўипсизликте екениң ҳаққында қосық пенен сени жубатады (2 Кор 11:14-қа қараң). Бирақ бизлердиң душпанымыз ҳеш ўақытта дем алмайды, онда дем алыс күнлери жоқ; ол өзиниң жобасын иске асырыўға тынбай талпынады. Соның ушын Қудайдың сөзи бизлерди: «Сақ ҳəм сергек болыңлар. Душпаныңыз шайтан кимди жутсам екен деп, ақырған арысландай болып гезип жүр» (1 Пет. 5:8), — деп шақырады.
Көпшилик жағдайларда бизлер душпанның ҳүжимлерин биле аламыз. Бирақ, айырым ўақытлары душпанның тактикасы жүдə жуқа ҳəм күшейген болады, оның мақсети — бизлерди ақыр-ақыбетинде Қудайдың жолынан шығарып ҳəм жоқ қыла алатуғын азғырылыўға түсириў. Душпанның усындай түрдеги ҳийлелерин билиў қыйынырақ. Мысалы, ол сен тек ескертиўге ылайықлысаң деп сени исендире алады. Бирақ Қудайдың сөз байлығында «ылайықлы болыў» сыяқлы сөз жоқ. Себеби бизлер өзлеримиз ушын Ийсаның өлиўине ылайықлы болмадық, бирақ Ол буған барды. Гəп бизлердиң шайтанның ҳийлелерине ылайықлы ямаса ылайықсыз екенимизде емес, ал гəп усы барлық гөне-көксиден бизлердиң жолымызды тазалаў ушын Ийсаның өлгенинде. Соның ушын келиң Қудайдан өзлеримизди шайтанның исин билиўге ҳəм кейин, жазылғандай, ол бизлерден «қашып кетиўи» ушын оған «қарсы турыўға» үйретиўин сорайық (Яқ 4:7-қа қараң).
Адам түриндеги душпаннан қутылыў ушын тəсирли бес усыл
Қудай бизлерге душпанның жобаларын бузыў ушын түрли қуралдың түрлери менен тəмийинледи. Баслы бесеўин атайық:
1. Қудайдың сөзи — душпанға қарсы күшли қурал. Ийсаның Өзи шайтан Оны азғырыўға ҳəрекет еткенде, шөлистанға Мухаддес Руўх алып барған ўақытта оны қолланды (Мт 4:1-қа қараң). Көпшилик Қудайдың Улы Өзин шайтанның азғырыўына жол қойыў ушын шөлистанға барыўының кереги жоқ еди деп ойлайды. Бирақ, ҳəр биримизге келетуғыны сыяқлы, дəл сондай «шайтан Оған келди» ҳəм Ийса душпанға қарсы турыў ушын Қудайдың сөзин қолланды. Ол шайтанға: «…Адам тек ғана нан менен емес, ал Қудайдың аўзынан шыққан ҳəр бир сөз бенен жасайды…» (Мт 4:4), — деп айтты. Егер душпан сениң өмириңди бузыўға ҳəрекет етип атырса, оны Қудайдың сөзиниң жəрдеминде жоқ қыл. «Еси дурыс адам қəўип-қəтерди көрип жасырынады, сада болса тоқтамастан барады, соның ушын қыйналады» (Сул 27:12). Өмириңде жаўызлықтың бар екенин көриўиңнен, дəрриў Қудайдың сөзине мүрəжат ет.
2. Қудайға алғыс — душпанға қарсы күшли қурал. Бизлер Қудайға сыйынғанымызды шайтан көре алмайды. Ал бул оның өзине сыйынбайтуғын адамларды жаман көретуғыны менен түсиндириледи. Бул оған соншелли жеркенишли болғанлықтан, ол Қудайға алғыс айтатуғынларды жек көреди. Қудайды ҳүрмет етип, бизлер Оған өмиримиздиң қапысын ашамыз ҳəм Оның барлығын сезе баслаймыз. Ал шайтан болса ол жерден жоқ болып кетиўге мəжбүр.
3. Қудайға бойсыныў — душпанға қарсы күшли қурал. Егер бизлер гүнада жасап атырған ҳəм Қудайға бойсынбайтуғын болсақ, бизлер беккем орналасып алыў ушын үйимизге кириўге уқыплы шайтанды өмиримизге мирəт етемиз. Өзлеримиз бенен жүз беретуғын жаман нəрсениң көбиси душпанның ҳəрекетиниң нəтийжеси болып табылады. Бирақ, гүна ислеп, өмиримизге өзиниң қорғанларын соғатуғын орынды шайтанға өзлеримиз беремиз. Душпан бизлердиң үстимизден ҳеш қандай бийликке ийе болмағаны менен, бизлердиң Қудайдың ўəсиятларына бойсынбаўшылығымыз оған өмиримизге кириўге ҳəм оның алдында «гилем» жайыўға жол береди. Ал өзлеримиздиң гүнаны мойынлаўымыз ҳəм оған тəўбе етиўимиз оның туўры алдында қапыны жабады.
4. Исеним — душпанға қарсы күшли қурал. Жолыңда өзиң көрмейтуғын қақпанларды душпанның бəрҳа қоятуғынын есте сақла, өйткени олар адамның көзине көринбейди. Оларға түспеў ушын, Қудайға қалай болса да жақынырақ барыўың ҳəм Оған табанларыңды бағытлаўына жол бериўиң керек. Ал буның ушын исеним талап етиледи. «Сақ ҳəм сергек болыңлар. Душпаныңыз шайтан кимди жутсам екен деп, ақырған арысландай болып гезип жүр. Исенимде беккем болып, шайтанға қарсы турыңлар. Себеби дүньяның басқа жерлериндеги туўысқанларыңыздың бирдей азап шегип атырғанынан хабарыңыз бар» (1 Пет. 5:8–9). Беккем исеним — душпанның қақпанларынан исенимли қорған.
5. Дуўа ҳәм ораза — душпанға қарсы күшли қурал. Дуўа — ораза менен қосқанда жəне де тəсирлирек болатуғын күшли қурал. Душпанның тутқынлығынан жийи дуўа ҳəм оразадан кейин азат болыўға болады. Усындай ораза ҳəм дуўа сыяқлы əпиўайы усылды қолланып, жүдə көп нəрсеге ерисиў мүмкин екенлиги таң қаларлық, бирақ бул ҳақыйқаттанда усындай. Сырттан ҳеш нəрсе болмай атырғандай, бирақ руўхый өмирде душпанға анық зыян келтириледи. Әдетте бир күнлик ораза өмириңди орап алған душпанның шынжырларын үзиў ушын жетерли болады. Бир қəлипте ораза тутып, жаўызлықты түйинде услаўға ҳəм душпанның жобаларын бузыўға болады. Усылай сен: «Мен өзимниң қəлеўлеримнен бас тартаман ҳəм өмиримде биринши орынға Қудайды қояман», — деп айтып атырғандай боласаң. Душпанға бул жеркенишли, себеби оның үстинен жеңиске ерисиўиң ушын қоллана алатуғын оразаның күшин ол биледи.
Мен жақсы адамман, солай екен не ушын шайтанмаған топылыс етеди?
Көпшилик усы сораўды береди, бирақ жуўап оның өзинде: душпан жақсы адам болғаның себепли тап саған топылыс етеди. Шайтан Қудайды сүйетуғынларға ҳəм Оның еркине бойсынатуғынларға бəрҳа зыян келтиреди. Негизинде, бул жерде баслы себеп шайтанның саған жеркенишинде жасырынған. Оған унаўы мүмкин болған жалғыз нəрсе — бул сениң оған уқсаўды қəлеўиң. Буның ушын саған оның тəрепине турыўыңа туўра келеди. Ҳəзирше болса сен Қудайды ҳəм Масихтың исин жақсы көреди екенсең, сен душпанның оқлары ушын нышана болып хызмет етесең.
Сениң Қудайға исенимиң қаншелли терең болса, өмириңе шайтан соншелли белсенди араласатуғынын есиңде тут. Соның ушын егер сен ҳəмме нəрседе Қудайға исениўге ямаса руўхый жетилисиўге талпынсаң ҳəм азатлықтың таза дəрежесине жетип ямаса таза хызметти орынлаўға таярланып атырсаң я Қудайдың даңқы ушын қандай да таза иске қосылатуғын болсаң, душпаның сени тоқтатыў ушын бар күшин салады. Ол сени депрессия, аўырыў, айып сезими менен жоқ қылыў ушын, жаныңды қапашылық ямаса жеңилиўдиң қорқынышы менен қысындырыў ушын қолынан келген ҳəмме нəрсени ислейди. Ол саған қарсы ҳийле дүзеди, сениң денсаўлығыңды бузыўға, шаңарағыңды, адамлар менен қатнасыңды бузыўға, карьераңа тосқынлық етиўге, сени қапашылыққа дуўшар етиўге, ақылыңды думанластырыўға ҳəрекет етеди. Шайтан сени шегиниўге мəжбүр етиў ушын ҳəмме нəрсени ислейди. Өзиниң Уллы Қудай менен салыстырғанда азғантай күшине қарамастан, ол саған керисин исендиреди. Душпан өтириктиң жəрдеминде сениң өмириңди қаралаў астына алыўға ҳəрекет етеди, ол ҳақыйқатты көрмеўиң ҳəм оның өтиригине исениўиң ушын сени соқыр етиўди қəлейди. Ол саған руўхый урыста утатуғынына исендиретуғын болады, бирақ ҳақыйқат оның əлле қашан жеңилгенинен ибарат.
Шайтан урлаў ҳəм набыт етиў ушын келеди. Ийса саған дəўлетли өмирди бериў ушын келди. Келиң қарап шығайық: өлим ҳəм қулаў шайтаннан, өмир ҳəм молшылық — Ийсадан. Бул, егер сен дəўлетли өмирге ийе болмасаң, онда буған сеннен оны урлайтуғын шайтан айыплы екенин билдире ме? Мениңше, бул айрықшалық емес, себеби урлаў — оның баслы мақсети. Екинши себеп сениң Қудай менен жақын қатнасқа ийе емеслигиңде ҳəм Оның жолларында жүрмейтуғыныңда жасырынған. Қудайдан өзиңе өмириңдеги ана яки мына жағдай ҳаққында ҳақыйқатты ашыўын сора. Душпанның нəсиятларын тыңлама ҳəм өзиң ушын Қудайдың таярлап қойғанынан тысқары машқалаларыңның шешилиўиниң ҳеш бир түрине келиспе.
Неде бойсынбаўшылық көрсетип атырғанымды маған аш. Егер мен өзимниң қорғаўшы дийўалымда қатты соққы бериўге душпанға жол берген болсам, оны ҳүжим менен қайтарыўым ушын маған көрсет. Мени Саған ҳəм Сениң сөзиңе деген беккем исеним менен қуралландыр. Өмиримде душпанның тиклеген барлық қорғанлары қулатылыўы ушын турақлы дуўа етиўге ҳəм ораза тутыўға жəрдем бер.
Қудайым, руўхый урыста беккем ҳəм ер жүрек болыўым керек екенин мен билемен. Мен душпаннан қорқпаўым керек (МНқ. 20:3-қа қараң). Душпанның мени соқыр етиўге ҳəм өзиниң еркин ислеўге мəжбүр етиўине қарамастан, оның шынжырларынан бəрҳа қутыла алатуғыным ушын Саған миннетдарман (2 Тим. 2:26-қа қараң). Мени шайтаннан ҳəм мени жек көриўшилерден азат еткениң ушын Саған рахмет (Заб 17:18-қа қараң). Сен — мениң қалқанымсаң, себеби мен Сениң жолларыңда жүремен (Сул. 2:7-қа қараң). Маған «жаманлықтан жеңилмеўиме» жəрдем бер, бирақ «жаманлықты жақсылық пенен жеңиўди» үйрет (Рим. 12:21). Жаўыз адамлардан мени Өзиңниң жүзиңниң қатламы астына ал (Заб 30:21-қа қараң). Мен ҳақыйқатта беккем турып ҳəм Сениң сөзиңде болып атырғанда, душпан мени жеңе алмайтуғыны ушын Саған миннетдарман.
«Бирақ, Ийемиз садық. Ол сизлерге күш-қуўат берип, шайтаннан сақлайды»
«Сонлықтан, жаман күнде оларға қарсылық көрсете алыўыңыз ушын ҳəм толық жеңиске ерискениңизден соң, беккем тура алыўыңыз ушын, Қудайдың барлық саўыт-қуралларын тағып алыңлар. Солай етип, орныңызда беккем турыңлар. Белиңизди ҳақыйқат белбеўи менен буўып, көкирегиңизге ҳақлық саўытын кийиңлер. Тынышлық Хош Хабарын жəриялаў таярлығын аяқларыңызға аяқ кийим қылып кийиңлер. Булардың ҳəммесине қоса, шайтанның барлық отлы оқларын өшире алатуғын исеним қалқанын қолларыңызға алыңлар. Қутқарылыў дуўлығасын ҳəм Қудайдың сөзи болған Мухаддес Руўхтың қылышын алыңлар. Ҳəр түрли тилек ҳəм жалбарыныў менен, Мухаддес Руўхтың басқарыўында ҳəмме ўақыт дуўа етиңлер. Усы мақсет пенен сергек болып, пүткил исениўшилер ушын табан тиреп сораңлар»
«Дүбелей келгенде гүнакар адамды көтерип кетер. Бирақ ҳақ адам мəңгиге беккем турар»
«Жуўмақлап айтқанда, Ийемиз бенен қатнаста болып, Оның қүдиретиниң күши менен беккемленип барыңлар. Шайтанның ҳийлелерине қарсы тура алыў ушын, Қудайдың барлық саўыт-қуралларын тағыныңлар»
АЛТЫНШЫ БАП
Бир күнди еске аламан — бул жума күни еди, күйеўим сапарда, ал балалар досларында қонақта еди. Мен жалғыз қалып ҳəм китаптың үстинде ислеўге болатуғын сийрек мүмкиншиликке қуўандым. Бирақ, өзимниң таң қалыўыма, өзиме тосаттан аўырманлық түскенин, жанымды тосаттан қайғы ҳəм муң қаплағанын сездим. Мен өмиримдеги қəтелерди излеп, тексере басладым ҳəм нəтийжеде биротала депрессияға түстим. Бул қайғылы ойлар мени улыўма қозғалтпады ҳəм менде кимге болса да қоңыраў қылыўға ямаса үйден шығыўға, ямаса хатлар я үй жумысы менен шуғылланыўға күш болмады. Әлбетте, китаптың үстинде ҳеш қандай жумыс ҳаққында гəп те болмады. Мен өзимниң бөлмемде ашылған Мухаддес Китап пенен дизерлеп жылап отырдым.
«Қудайым, мениң менен не болып атырғанын түсиндир ҳəм мен не ислейин. Сени еситпегенше ямаса жағдайым жақсыланбағанша дуўа етемен», — деп мен дуўа еттим.
Мен пүткил шемби күни ораза туттым. Азанғы саат төртке шамалас мен қатты руўхый тəшиўишлениўден ояндым. Мен отырдым ҳəм Мухаддес Китапты оқыўды басладым. Мениң нəзерим Ийшая пайғамбардың китабындағы: «муңлы руўхтың орнына — жақсы кийим» (Ийш 61:3), — деген сөзлерге түскенде, мен сол ўақытта «муңлы руўх» пенен иске ийе болғанымды түсиндим. Мениң өмиримде усы руўхтың пайда болыўы ушын себеп жоқ еди, бирақ душпан мени керисине исендириўге ҳəрекет етти.
Кейинги жигирма минут даўамында Қудайға алғыс айттым ҳəм Оның сөзин жəрияладым. Мен душпанға кетиўди буйырдым ҳəм Қудайға буның ушын өзиме берилген бийлиги ушын миннетдаршылық билдирдим. Кейин мен депрессияның қараңғы, аўыр жабыўы мениң ийнимнен сырғанап түскенин сездим, бул сондай тез болғанлықтан, өзимниң душпанның туўры ҳүжимине дуўшар болғаным маған улыўма анық болды.
Сол күнди еске алып, мен жүз берген нəрселердиң себебин түсинемен: гəп сол ўақытта өзимниң Дуўа етиўши ҳаял атлы китаптың үстинде ислеп атырғанымда ҳəм оның жуўмақланыўы ярым жолда болғанында еди ҳəм душпан усылай етип мени тоқтатыўға ҳəрекет етти. Бирақ керисинше болды. Кейинги күнлерде маған өмиримниң ҳəм келешегимниң таза көриниси ашылды ҳəм мен душпанның өтиригин тезирек билип ҳəм оған батылырақ қарсы тура басладым. Мен қəтелесип оны ҳақыйқат деп қабыл етиўдиң орнына, ойымда ол пайда болыўдан-ақ усы өтирикти əшкаралаў кереклигин түсиндим.
Ойларыңды басқарыў
Жанымыздың қəўипсизлигин ҳəм оларды душпаннан қорғаўды тəмийинлеўде бизлердиң ойларымызды қадағалаўды билиў əҳмийетли рол ойнайды. Мухаддес Китапта, бизлердиң барлық ойларымызды Масихқа бойсыныўда тутқын етиўди үйрениўимиз кереклиги айтылған (2 Кор. 10:5–3а қараң).
Ҳəр бир жаңадан келгенлер сыяқлы, өзим ушын да басыма келген қəлеген ойға гүманланыўға ҳуқыққа ийе екеним, оған қулақ асыў ямаса аспаўға менде таңлаў бар екени ҳаққында жаңалық ҳайран қалдыратуғын ашылыс болды. Көплеген избе-из адам өлтириўшилер өзлерине өлтириўди буйыратуғын сөзлерди еситетуғынын, ал өзлериниң усы көрсетпелерине бола тек еретуғынын тастыйықлайды. Басында еситилетуғын даўысларды танып билмейтуғын адамлар олардың арасында өзлерине билдирмей барып ҳəм оларға өзиниң ойларын жабыстыратуғын ҳийлекер өтирикши — шайтанның даўысын айырып билмейди. Бизлер буған таяр болыўымыз керек.
Бизлер исенетуғын өтирик
Сени күн сайын бирдей ойлар қыйнайтуғын ўақыт болды ма? Сениң ойыңа келетуғын қандай да бир пикир, жүрегиңде аўырық, қарныңда жағымсыз сезим, тамағыңда қысылыў, қол ҳəм аяқларыңда ҳəлсизлик, көз жас ямаса бөртпе келтирип физикалық жағдайыңа тəсир етти ме? «Ал егер де?» деген ойлар сениң ақылыңды айыплаған ўақытлар болды ма: «Ал, егер балконнан секирсем не?», «Ал, егер машинада дийўалға урылсам не?». Сениң санаңа мынадай ойлар келди ме: «Мен буны ислемегеним жақсы еди», «Неге мен сол жерге бармадым?», «Бир нəрсе айтыў керек пе еди?». Мынадай ойларда көринетуғын өзиңди аяўшылық сени тосаттан қапламады ма: «Мен ҳеш кимге керек емеспен», «Мен əдалатсызбан», «Менде ҳеш жақсы нəрсе жоқ», «Мениң қолымнан ҳеш нəрсе келмейди».
Егер усындай ойлар саған келсе, онда олардың Қудайдан келмегенин, Қудайдың саған бериўди қəлеген ашылысы менен улыўма ҳеш нəрсеге ийе емеслигин бил. Бул сениң санаңды қадағалаў астына алыўға талпынып атырған душпанның ҳəрекети.
Өмирде азаплар көп, бирақ бизлерде ҳеш қандай тийкар болмаса да көбинесе азап шегемиз, себеби өзлеримиз ҳəм өмиримиз ҳаққында өтирикке исенемиз. Бизлер өзлеримизди набыт етиўди қəлемейтуғын душпанымыздың айтқанларын ҳақыйқат деп қабыл етемиз. Бизлер өзлеримиз исенетуғын өтириктен қорқынышты сеземиз, қəўетерленемиз, өзлеримизди аяймыз. Бирақ бизлер қəлеген өтирикти дуўа, исеним, Қудайдың сөзиниң ҳақыйқаты менен жеңе аламыз.
Душпанның өзиңнен Қудайдың сөзин урлаўға ҳəрекет ететуғыны ҳаққында есте тутыў əҳмийетли. Ол сени азғырады ҳəм саған Эден бағында Ҳаўа-енеге исендирген Қудайдың тəлиминиң ҳақыйқатлығына гүманландырғандай сени де исендиреди: «Қудай ҳақыйқаттан айтты ма?», «Қудай усыны нəзерде тутты ма?», «Сениң ислемекши болып атырғаның Қудайға унай ма?», «Қудай ҳақыйқаттан саған ғамхорлық ете ме?».
Буннан кейин душпан Қудайдың сөзинде айтылғанға қарсы нəрсени баслайды: «Қудай буны айтпады», «Қудай буған қарсы болмайды», «Қудай сен туўралы жүдə жоқары пикирде емес», «Қудай сени жарылқаўдан қуры қалдырады».
Егер сен Қудайдың тəлимине гүманланыўды ҳəм оған қарсы болыўды басласаң, онда ақылыңды душпан ҳүким ететуғынын бил. «Сондай жол бар адамға туўры болып көринеди, бирақ ақыры өлимге алып баратуғынын» (Нақ. мақ. 14:12), — есте тут. Айырым ойлар дурыс ҳəм Мухаддес Жазыўға сəйкес көриниўи мүмкин, бирақ оларды Қудайдың сөзи менен салыстырғанда өтирик əшкараланады.
Өтирик — душпанның өзгермейтуғын қуралы. Ийса шайтанды «…бастан-ақ адам өлтириўши еди. Ол ҳақыйқат тəрепинде турмаған, өйткени онда ҳақыйқатлық жоқ. Ол өтирик сөйлеген ўақытта, өз тəбиятына тəн сөйлейди. Себеби ол өтирикши ҳəм өтириктиң əкеси» (Юхан 8:44), — деп айтты. Шайтанның күши бизлерди исендиретуғын өтирикке адамларды исендириўге мəжбүр етиў уқыплылығынан ибарат. Егер адамлар оның өтиригине исениўден бас тартса, онда ол өзиниң мақсетлерине жетиў мүмкиншилигинен айырылады.
Өзиңниң ойларыңды изертле
Сенде таңлаў бар: бир нəрсени қабыл етиў ямаса бас тартыў. Сен «Масих Ийсада болған мына кешипейилликке ийе» (Флп. 2:5-қа қараң) болыўың ушын ҳəр бир ойыңды я Масихқа бойсындырыўға тартыўға келисесең, я шайтанға өзиңди өтирикке азықландырып ҳəм өмириңди заялаўына жол қоясаң. Ҳəр бир гүна жүректиң төринен басланады (Мк 7:21–22-ға қараң). Егер сен өзиңниң ойларыңды қадағалаўды үйренбесең, буны сениң орныңа шайтан ислейди.
Соның ушын сен өзиңниң ойыңа келетуғын, өзиң көретуғын, еситетуғын ямаса оқыйтуғын ҳəмме нəрсе: көк теле ҳəм радио дəстүрлерине, журналларға, китапларға, компакт-дисклерге жүдə итибарлы қатнаста болыўға миннетлисең. Олар сени Қудай ҳаққындағы ойлар менен толтыра ма, сениң руўхыңды азықландыра ма, сени байыта ма ҳəм саған тынышлық ҳəм жарылқаў берип, ойыңды тазалай ма ямаса олар сениң жаныңды қыйратып, шаршатып, уялдырып, сени қорқыта ма? «Себеби Қудай тəртипсизлик Қудайы емес, ал тынышлық Қудайы» (1 Кор. 14:33). Санаңды Мухаддес Руўх жасайтуғын адамлар жазған масихый мазмундағы китаплар ҳəм журналларды оқып, Қудайдың сөзине толтырып, Қудайды уллылайтуғын ҳəм алғыслайтуғын наманы тыңлап, бизлер шайтанға өмиримизге кириўге жол бермеймиз.
Өзиңе ана яки мына ойды ким — душпан ямаса Қудай берип атырғанын түсиниў ушын өзиңнен: «Ал бул ой маған унай ма?», — деп сора. Егер жуўап «яқ» болса, онда оны сөзсиз душпан жиберип атыр. Егер, мысалы, сен ибадатханада отырып, тосаттан хорда қосық айтып атырған адамлардың кийимсиз екенин көз алдыңа келтирсең, онда бул ойлардың дерегин анықлаў улыўма қыйын емес. Жаман ойлар ушын өзиңди ҳүким етиўдиң орнына, душпанға ойыңнан кетиўине буйрық бер, себеби сен оған жаныңда шайтанның түрли тасландлары ушын орын қалыўына жол қоймайсаң. Оған өзиңниң «Масихтың ақылына» ийе екениңди ҳəм соның ушын басыңнан барлық жаман ойларды ылақтырып таслайтуғыныңды айт (1 Кор. 2:16-қа қараң).
Әдалатсыз ойларға қулақ асыўдан бас тартып, сен шайтанға қарсы турасаң. Қанша адам бул керек болса да буны ислемейди!
Сениң ойың түрли астан-кестенликтен ҳəм аўырлықтан азат болыўы керек. Сен буның менен жасамаўың керек. Сен Мухаддес Жазыўда «…бутқа табыныўшы миллетлердиң адамлар[5] сыяқлы, бос қыялларға берилип жасамаңлар. Олардың сана-сезимлери топырланып, ишиндеги наданлық ҳəм жүреклериндеги қаталлық себепли, Қудайдан берилген өмирге жат болған» (Еф 4:17–18), — деп айтылғандай ислемеўиң керек. Сен анық ойға ҳəм өмириңниң анық көринисине ийе болыўың керек. Душпан сени келешегиң өзиники сыяқлы үмитсиз екенине ямаса сениң əўметсиз ҳəм өмириң ҳеш нəрсеге турмайтуғындай мəниссиз ҳəм мақсетсиз екенине, қандай болса да сый ҳəм талантлардан айырылғаныңа исендирсе де, Қудай керисинше айтып атырғанын бил. Қудайға исен ҳəм басқа ҳеш кимди тыңлама.
Сениң сөзиң «жүректеги ой ҳəм нийетлерди əшкара қылады» (Евр. 4:12-қа қараң). Мен оқыған ўақытта Сениң сөзиң маған түрли надурыс ойларды ашсын; еситкен ўақтымда душпанның өтиригин айырып билиўим ушын ол санама сондай сиңсин. Сеннен өтинемен, ҳақыйқат Руўхы алданыўыма жол қойма. Сениң бизлерге «душпанның пүткил күш-қүдиретин жеңиўге» (Лк 10:19-қа қараң) бийлик бергениңди мен билемен соның ушын, мен душпанға өмиримнен кетиўин буйыраман. Мен оның өтиригине исениўден бас тартаман.
Қудайым, маған «Масихтың ақылын» бергениң ушын Саған миннетдарман (1 Кор. 2:16-қа қараң). Сениң ойларың мениң ойларым болыўын қəлеймен. Қалай ҳəм қашан Саған унамсыз ойлардың санамды бийлеўине жол қойғанымды маған көрсет. Буннан былай оннан қашыўыма жəрдем бер ҳəм санамды Сени алғыслайтуғын ойлар, сөзлер, намалар ҳəм үлгилерге толтыр. Ҳақыйқый, ҳүрметли, ҳақ, пəк, унамлы, мақтаўға турарлы нəрселер ҳаққында ойлаўды маған үйрет (Флп. 4:8-қа қараң). Сениң маған «салдамлылық руўхын»[6] бериўиңди қəлеймен (2 Тим. 1:7-қа қараң).
«Бул дүньяның адамларына еликлемеңлер. Ал Қудайдың ой-пикириңизди жаңалап, Оның сизлерди толық өзгертиўине жол қойыңлар. Сонда сизлер Қудайдың жақсы ҳəм минсиз еркин, яғный Оған нениң унайтуғынын айырып билесизлер»
«Бизлер дүньяда жасап атырған болсақ та, дүньяның жолы менен урыспаймыз. Бизлердиң урысымыздың қураллары дүньяға тийисли қураллар емес, ал душпанның беккем қорғанларын қыйрататуғын Қудайдың қүдиретине ийе болған қураллар»
«Гүнакар тəбият басқаратуғын ой-пикирлер өлимге, ал Мухаддес Руўх басқаратуғын ой-пикирлер өмирге ҳəм тынышлыққа еристиреди»
«Сол себептен, бурынғы өмир жолыңыздан, яғный денениң жаман қəлеўлери себепли шириген ески тəбиятыңыздан ўаз кешиңлер. Ой-пикирлериңизди ҳəм руўхыңызды жаңалап, шын ҳақлық ҳəм мухаддеслик пенен Қудайға уқсатылып жаратылған жаңа адам болыңлар»
«Руўхы беккемди Сен минсиз дүньяда сақлайсаң, себеби ол Саған сүйенеди»
ЖЕТИНШИ БАП
Қудайды сүйетуғын ҳəм ўазшы сыйына ийе болған бир жас адамды билемен. Бирақ буған қарамастан, ол Қудайға өмиринде толық ҳеш исене алмайды. Ол өзиниң қағыйдалары бойынша өзинше жасаўды даўам етип атыр ҳəм жеке өмиринде, жумысында əўметсизликлер ҳəм кеўил қалыўлар оның изинен бəрҳа жүреди. Егер бул жас адам: «Қудайым, мен Сен қəлеген ҳəмме нəрсени орынлайман», — деп ўəде бергенинде ҳəм ҳақыйқаттан усылай ислегенинде, Қудайдың оған жумыс таўып бериўине ҳəм оның пүткил өмири Қудайдың жарылқаўларына толыўына мен исенемен.
Не ушын айырым адамлар исенимде өспейди? Не ушын оларды бəрҳа əдалатсызлықлар гүзетеди ҳəм олар өзлери ушын əдетли өмир дəрежесинен ҳеш жоқары көтериле алмайды? Не ушын олар Қудай менен қатнасында қуўанышты сондай сийрек сезеди? Ямаса Қудайға жақынлағанынан? Ямаса Қудайдың өзлерине берген талантларының ашылыўынан? Не ушын олар өзлериниң алдына Қудайдың қойған мақсетлерине ҳеш жақынлай алмайды?
Мениң ойымша жуўап «мойынсыныў» сөзинен ибарат деп ойлайман. Олар Қудайға толығы менен ҳеш ўақытта бас иймеген. Олар Ийсаға өзлериниң өмириниң Ийеси болыўына жол бермеген.
Қудайға бойсыныў — мынадай: «Қудайым, мен Сен қəлеген ҳəмме нəрсени ислеймен. Мениң өмиримде көргиң келген ҳəмме нəрсеге „аўа“ деп айтаман. Егер талап етилсе, өзимнен ҳəм өзимниң қəлеўлеримнен бас тартыўға таярман. Мен өзимди жийи Сениң барлығыңды сезиў ушын денениң шақырығынан бас тартыўға таярман. Егер мен үйде болыўды қəлесем, ибадатханаға бараман; егер мениң жегим келсе, ораза тутаман; егер уйқым келсе, мен дуўа етемен; көк экранды көриўди қəлеген ўақтымда, мен Сениң сөзиңди оқыйман; өзиме сарплаўды қəлеген ўақтымда, мен ақшаларымды басқаларға беремен. Мен Саған бəрҳа миннетдаршылық билдиремен ҳəм Саған алғыс айтаман. Саған сыйыныў мен ушын қолланатуғын соңғы усыл емес, ал жоқары бириншилик болады. Мен Сениң буйырғанларыңның ҳəммесин орынлайман, өйткени мен пүткил жүрегим менен Саған унаўды ҳəм Сениң жарылқаўларыңды алыўды қəлеймен», — деген сөзлерди айтыўды билдиреди. Егер сен Қудайға толығы менен исенсең, онда бул Оған өмириңде биринши орынды беретуғыныңды ҳəм Оның басшылығы астында ҳəрекет етип атырғаныңды билдиреди. Сол ўақытта сениң өмириң өзгере баслайды.
Ийса — буны бизлер мойынлаймызба ямаса мойынламайымызба ғəрезсиз Қудай болып есапланады. Бул солай, себеби «Қудай Оны ең бийик мəртебеге еристирди ҳəм Оған барлық атлардан жоқары туратуғын атты берди. Солай етип, Ийсаның аты аталғанда аспандағылардың, жердегилердиң ҳəм жердиң астындағылардың барлығы дизе бүгип, Қудай Әкениң уллыланыўы ушын, ҳəмме Ийса Масихты Ийемиз деп ашық мойынлайды» (Флп. 2:9–11). Бирақ Масих тек əлемниң Ийеси емес — Ол ҳəр биримиздиң өмиримиздиң Ийеси. Буны бизлер мойынлаймыз ба ямаса яқ па, бирақ дəл усының менен өмиримиздиң əўмети ҳəм сапасы шəртлеседи. Егер бизлер Ийсаны өмиримиздиң Ийеси деп тəн алмасақ, демек, Мухаддес Руўх бизлерди басқармайды. «…тек Мухаддес Руўх басқаратуғын адам ғана, Ийса — мениң Ийем — деп айта алады» (1 Кор. 12:3). Ал, егер Мухаддес Руўх бизлерди басқармаса, онда бул бизлердиң еле дене бойынша жасап атырғанымызды билдиреди.
Қудайым, Сен буйырған ҳəмме нəрсе
Ески вестерналарда жақсы жигит (көбинесе ақ кийимде) əдетте жаман жигитти қуўып жетеди (қара кийимде) ҳəм пистолетти тақап: «Қолыңды көтер!», — деп буйрық береди (Бул «қолыңды көтер» сөзи онша қорқынышлы еситилмейди).
Жаман жигит қуралын жерге таслайды, қолын көтереди ҳəм: «Бағындым», — деп айтады.
«Бағыныўдың» дəл усындай түрин Қудай сеннен күтеди. Тек сен — сол вестернадағы жаман жигит емессең, ал Қудай сениң көкирегиңе пистолет тақап атырған жоқ. Ол саған Өзиниң бармағы менен көрсетеди, бирақ айыплаўшы ямаса əшкаралаўшы емес — Ол сени Өзиниң топарының ағзасы сыпатында таңлағандай саған сүйиспеншилик пенен көрсетеди. Қудай саған: «Сен! Мен сени таңлайман! Сен ушын таярлаған ҳəмме нəрсени бере алыўым ушын Маған бағын», — деп айтады.
Егер бизлер: «Қудайым, мен бағынаман. Менде бар ҳəмме нəрсени ал. Мен Сениң буйырғанларыңның ҳəммесин ислеймен», — деп айта алғанымызда еди, барлық қатнасларда өмиримиз жақсы тəрепке өзгерер еди.
Не ушын бизлерге: «Қудайым, Сениң буйырған ҳəмме нəрсең… Мен Саған унайтуғын ҳəмме нəрсени ислеймен», — деп айтыў қыйын? Ҳəммесинен де, бизлердиң өзлеримиздиң жеке қəлеўлеримиздиң орынланыўын қəлеўимиз ҳəм Қудайдың бизлерден бир нəрсе ҳаққында сорай алатуғынынан қорққанымыз себепли. Бизлер буның өзлеримизге қалай болса да зыян келтириўинен қорқамыз. Себеби ең қыйыны: «Ийса Қудай», — деп айтыўдан емес, ал Ол айтқандай етип ислеўден ибарат. Ийса: «Неге сизлер Мени: „Ийем, Ийем“ деп шақырып, айтқанларымды қылмайсызлар?» (Лк 6:46), — деп сорады. Бизлер Қудайдың буйрықлары өзлеримизге ҳақыйқаттан жарылқаўға айналатуғынына бийкарға гүманланамыз. Қудай бизлердиң жеңимпазлар топарының ағзалары болыўымызды қəлейди.
Егер сениң өмириңде руўхый өсиў жоқ болса, Қудайға толық исенесең бе, Ийсаға өмириңде Ийениң орнын бересең бе, өзиңниң қəлеўлериңнен бас тартасаң ба тексерип көр. Егер яқ болса, қолыңды көтер ҳəм усы биринши қəдемди тасла.
Ийса: «Ким де ким өз атанақ ағашын арқалап, Мениң изимнен жүрмесе, ол Мениң шəкиртим бола алмайды» (Лк 14:27), — деп айтты. Егер Оған өмириңди исенип тапсырмасаң, сен Оның атанақ ағашын алып жүре алмайсаң. Тек Қудайға қалдықсыз берилген, Оған толық бойсынған өмир Оның Ибадатханасының даңқы ушын тəсирли қолланыла алады. Қудайға сениң бир бөлегиң керек емес. Ол ҳəммесине ийе болыўды қəлейди. Қудайға өзиңнен күткен ҳəмме нəрсени бере алыўың ушын дуўа ет.
Маған өзимнен бас тартыўға, өзимниң атанақ ағашымды алыўға ҳəм Сениң изиңнен ериўге жəрдем бер (Лк 9:23-қа қараң). Мен Сениң Өз сөзиңде айтқаныңдай Сениң шəкиртиң болыўды қəлеймен (Лк 14:27-қа қараң). Буның ушын керек ҳəмме нəрсени ислеўиме жəрдем бер. Мен жанымды қутқарыў ушын оны Сен ушын жоғалтыўды қəлеймен (Лк 9:24-қа қараң). Маған усы сөзлердиң мəнисин ашып бер. Мениң менен Сени түсинетуғындай етип сөйлес.
Маған бир нəрсе ислеўди буйырғаныңда ҳəр сапары Саған «аўа» деп айтыўыма жəрдем бер. Мениң баслы қəлеўим — Саған унаў ҳəм Сеннен ҳеш нəрсени жасырмаў. Мен Саған ҳəммесин қалдықсыз беремен: өзимниң адамлар менен қатнасымды, қаржымды, жумысымды, бос ўақтымды, денемди, ойымды, жанымды, қəлеўлерим ҳəм əрманларымды. Буның ҳəммесин Сениң даңқыңа қолланылыўы ушын Сениң қолларыңа беремен. Усы күни мен: «Қудай алдында жасаў ушын, Мухаддес Нызам арқалы мен Мухаддес Нызам алдында өлгенмен. Мен Масих пенен бирге атанақ ағашта шегеленгенмен. Енди жасап атырған мен емес, ал менде Масих жасап атыр. Ҳəзир денеде жасап атырған өмиримде, мени сүйген ҳəм мен ушын Өзин қурбан еткен Қудайдың Улына деген исенимим менен жасап атырман» (Гал. 2:19–20-ға қараң), — деп жəриялайман. Қудайым, өмиримниң барлық тараўларында мени басқар ҳəм мени Өзиңниң мен ушын таярлап қойған жериңе алып бар.
«Сонда Ийса ҳəммеге былай деди: Ким де ким Маған ергиси келсе, өзинен кешсин ҳəм ҳəр күни өз атанақ ағашын арқалап, Мениң изиме ерсин. Ким де ким өз жанын сақламақшы болса, оны жоғалтады, ал ким де ким өз жанын Мен ушын жоғалтса, ол оны сақлап қалады»
«Жасасақ, Ийемиз ушын жасаймыз. Өлсек те, Ийемиз ушын өлемиз. Солай етип, жасасақ та, өлсек те Ийемизге тийислимиз»
«Сонлықтан, Масих Ийсаны Ийемиз деп қабыл еткен болсаңыз, Оның менен тығыз қатнаста болып жасаңлар. Онда тамыр жайып ҳəм тикленип, өзлериңиз үйренгендей, исенимде беккемленип барыңлар ҳəм Қудайға сансыз шүкирлик билдириңлер»
«Жаратқан Ийеге исен пүткил жүрегиң менен, өз ақылыңа сүйенбе».
«Сонлықтан өзлериңизди Қудайдың қүдиретли қолы астында пəс тутыңлар. Сонда белгиленген ўақыт келгенде, Ол сизлерди мəртебели етеди. Барлық ғам-тəшиўишлериңизди Оған тапсырыңлар. Өйткени Ол сизлерге ғамхорлық қылады»
СЕГИЗИНШИ БАП
Бир неше жыл алдын мен өзимди операция қылған емлеўханаға түстим. Емлеўханада еки ҳəпте болдым, кейин мени үйге шығарып, ол жерде маған мийирбийке қараўы керек еди. Операциядан кейинги сегиз айда мен медициналық көрик астында болдым. Толық шыпаланыўым ушын маған бир жылдан көбирек ўақыт талап етилди (бул ўақыя ҳаққында анығырақ бизлер келеси баплардың биринде сөйлесемиз).
Емлеўханада болғанда, мен Қудайдың сөзин оқыў ушын жүдə ҳəлсиз болдым. Үскенелерге жалғанған көп санлы түтикшелер мениң денемди барлық тəрептен орады ҳəм мен я отырып, я айлана алмайтуғын едим. Ал, қолымда аўыр Мухаддес Китапты алыў ҳаққында гəп болыўы да мүмкин емес еди. Мен күни-түни күтимге мүтəж болғаным ушын, сиңлим туўысқанларым ҳəм досларыма мениң төсегимде гүзетиўшилик етиўди шөлкемлестирди. Олар ҳəр үш сааттан бир-бирин алмастырды ҳəм тек қызым мениң менен толық он еки саат болды: кешки саат 2 ден келеси күнниң азанғы 2 ге шекем. Бул ол ушын аўыр еди, себеби ол сол ўақытта колледжде оқыйтуғын еди: оған түнде маған ҳəр еки сааттан дəри бериўине, ал кейин күн даўамында сабақларда отырыўына туўра келетуғын еди.
Гүзетип отырыў ўазыйпасын орынлаўдан тысқары, бул сүйиўши адамлар жəне маған Қудайдың сөзин оқыйтуғын еди.
Әлле қашан айтқанымдай емлеўханадан шыққанымнан кейин мени үйге мийирбийкениң гүзетиўи астында жиберди. Маған досларым ҳəм танысларым менен қатнастан өзимди тутыўымды мəслəҳəт етти, себеби мениң организимиме инфекция кириў қəўипи жоқары еди. Ал үйде ҳəммеси бəнт болғанлықтан, Мухаддес Китапты маған оқып беретуғын ҳеш ким жоқ еди (мен ҳеш кимге өкпелемеймен: мен ҳəр бирине маған ғамхорлық етиў менен күнделикли жумысын бирлестириў жүдə қыйын болғанын түсинемен). Сол ўақытта ҳəммеге аўыр еди.
Демек, мен үйде төсекте жаттым, əсте-ақырын тəўир бола басладым ҳəм магнитофон лентасына жазылған мухаддес китаплық текстлерди еситетуғын едим. Бирақ бул Мухаддес Китапты өзиң оқығандай емес еди. Мен мағлыўматты тыңлап емес, ал оқып аңсатырақ өзлестиремен. Мухаддес Китаплық текстти оқыўшының атқарыўында еситкенимде, ол иркилис қылмайтуғын еди. Соның ушын мен еситилген бир аят ҳаққында ойланаман дегенше, оннан кейинги келеси он аят қулағымның қасынан өтетуғын еди. Әдетте, Қудайдың сөзин оқып, мен сол ўақытта өзиме айрықша əҳмийетли болған аятларда тоқтап текст бойынша қозғаламан. Мен оларды «қайта писириўди» баслайман ҳəм Қудайдан алдын билмеген таза нəрсени ашыўын сорайман.
Бирақ мен тəўер болып ҳəм отырып, Мухаддес Китапты өзим оқый алатуғын болғанымда да, мениң басымда думан болды, ал көзлеримде күнде өзиме салынған аўырыўды қалдыратуғын нəрселердиң үлкен санынан перде төселди. Соның ушын сөзди оқыў маған қыйын еди. Мен машқаланың өзимде екенин түсинетуғын едим, бирақ мен улыўма бир нəрсени өзгертетуғындай жағдайда емес едим. Қудайдың сөзин оқыў мени бəрҳа күшке толтыратуғын еди, сол күнлерде ол мен ушын қандай да ўазыйпаға айналды. Мен тек өзимниң мүтəж екенимди түсингеним ушын оны оқыйтуғын едим. Ис жəне мениң бес ай даўамында ибадатханаға бара алмаўым менен аўырласты ҳəм соның ушын шопанның ўазларын тыңлай алмадым ҳəм мухаддес китаплық сабақларға бара алмадым. Мениң масихыйлық билимимде бундай үлкен үзилислер еле болмаған еди (өзимниң қə жыллық масихый өмиримде ең узақ үзилис еки ҳəпте даўам еткен еди). Мен магнитофон лентасына жазылған ўазларды тыңлайтуғын едим, бирақ мениң ойларым басқа узақ жерлерде жүретуғын еди ҳəм мен ўаздың дəл ортасында жийи уйықлап қалатуғын едим.
Мен əдетленген күнделикли Қудайдың сөзине азықланыўдан айырылғанымнан, аяғымның астындағы жерди жоғалта басладым. Маған шешим қабыл етиў қыйын болды, өйткени мен Қудайдың даўысын алдынғыдай анық еситпедим. Маған китаптың үстинде ислеў қыйын болды, себеби мен Қудайдың өзиме айтқанында жəмлене алмайтуғын едим. Бирақ ҳəммесинен жаманы өзимниң ишимде бослықты сезе баслаўым еди. Усылай, усы машқаланың шешими ҳаққында дуўа етиўим кереклигин түсинбегенимше даўам етти, буннан кейин өмиримниң усы тараўында руўхый өсиў басланды. Мен: «Қудайым, мен Сениң тири сөзиңе мүтəжбен. Әке маған жəрдем бер, ақылымды ҳəм жанымды тазала. Мениң билимлеримди кеңейт. Сениң сөзиңе алдынғыдан да тереңирек кириўге жəрдем бер», — деп дуўа еттим.
Дуўа етип баслағанымнан шама менен бир ҳəптеден кейин Қудай маған жуўап берди. Мухаддес Китапты оқыў мен ушын жəне қызықлы ҳəм ҳəўесли шынығыў болды; мен Қудайдан жаңа ашылыс алдым. Қудай усындай əпиўайы дуўаға жуўап берген екен, онда не ушын Мухаддес Китапты оқымастан алдын ҳәр сапары: «Қудайым, маған Өзиңниң сөзиңниң тереңлигин аш», — деп дуўа етпейин? Мухаддес Жазыўды үйрениў қоллаў дуўасына жүдə мүтəж болған өмиримиздиң əҳмийетли тəреплериниң бири болып табылады.
Жанымыз ушын күнделикли азық
Қудайдың сөзи — жанымыз ушын нан. Бизлер ол болмаса жасай алмаймыз. «…Адам тек ғана нан менен емес, ал Қудайдың аўзынан шықан ҳəр бир сөз бенен жасайды…» (Мт 4:4), — деп жазылған. Егер бизлер Қудайдың сөзи менен турақлы азықланбасақ, онда бизлерди руўхый ашлық бийлейди.
Емлеўханада болып, мен Мухаддес Жазыўдың көп аятлары қалай ядымнан жоқ болғанына таң қалдым. Әлбетте, буған сол ўақытта өзимниң қабыл еткен көплеген аўырыў қалдыратуғын дəрилер себепши болды ҳəм солай болса да усы ҳақыйқат мени қатты таң қалдырды. Мухаддес Китапты сонша жыл оқығаннан кейин көбисин сондай тез умытыў қалай мүмкин? Айырым аятлар мениң ақылыма ҳəм жаныма сондай қатты орналасқанлықтан, мен түсимде оларды ядтан айта алатуғын едим. Сол ўақытта мен жанымызда жазылған Қудайдың сөзин сақлаў ҳəр биримиз ушын қаншелли əҳмийетли екенин түсиндим. «Сонлықтан, еситкенлеримизден узақлап, жолдан шығып кетпеўимиз ушын, еситкенлеримизге еле де көбирек дыққат аўдарыўымыз керек» (Еврей. 2:1).
Сөзди орынлаўшы бол
Сениң Қудайдың жолында қандай узақ жүргениңниң əҳмийети жоқ — Қудай сени таза нəрсеге үйретиўге, ямаса əлле қашан саған белгили нəрселерге жақсырақ түсиник бериўге, ямаса саған алдын улыўма белгисиз нəрсени ашыўға бəрҳа таяр. Қандай жағдай болса да ҳақыйқатты билиў жетерли емес, оған сəйкес ислеў керек. «Сөзди тек тыңлаўшылар болып, өз-өзиңизди алдамаңлар, оны орынлаўшылар болыңлар. Егер ким де ким сөзди тыңлап, оны орынламаса, ол өз тəбийғый келбетин айнада көрген адамға уқсайды. Себеби ол өзин көрип болып, кетип қалады ҳəм қандай екенин дəрҳал умытады» (Яқ 1:22–24). Егер бизлер өзлеримизге Қудайдың сөзи буйырғандай ислемесек, бизлер тек ғана оны емес, ал өзлеримиздиң статусымызды да умытамыз.
Қудайдың сөзин оқып атырып, Қудайдан оны əмелде қолланыўды өзиңе үйретиўин сора. Оқығаныңа исенимиң ҳаққында ҳəм оқығаныңа тийкарланып жасамақшы екениң ҳаққында гүўалық етиўши қəдемди исле. Болмаса өзиңде бар болған Қудайдың сөзин билиўиң сеннен тартып алынады. Сөзди тыңлап, сөзди оқып ҳəм сөзди үйренип ҳəм бəри бир алдынғы жағдайда қалыў мүмкин. Пүткил Мухаддес Жазыў үйретеди, əшкаралайды, байытады, шыпалайды, бизлерге ескертеди ҳəм жүрегимизди жибитеди. Бирақ бизлер усы сөзге бойсыныўда жасаўымыз керек. Соның ушын сен Оның сөзин ҳəр сапары оқығаныңда өзиң менен сөйлесиўин ҳəм оның талап ететуғынындай ислеўди үйретиўин Қудайдан сораўың керек.
Қудайдың сөзин оқыў ушын əҳмийетли он себеп
Егер сен ҳəр күни Қудайдың сөзин үйрениўге дыққат бөле алмасаң, онда сени Мухаддес Китапты оқыўға руўхландыра алатуғын төмендеги дизимге қара:
1. Сен қай жерге баратырғаныңды билесең. Сен өзиңниң келешегиңди алдын-ала биле алмайсаң ҳəм неге баратырғаныңды анық билмейсең, бирақ Қудайдың сөзи саған жол көрсете алады. «Жалтақлайтуғынларды мен ҳеш жақтырмайман, ал Сениң тəлимиңди қатты унатаман» (Заб 118:133).
2. Сен даналыққа ийе боласаң. Қудайдың сөзин билиў саған даналық береди. «Минсиз — Жаратқан Ийениң тəлимлери, жан дүньяны олар жаңартады. Ҳақыйқат — Ийемиздиң ашылыслары, олар ақмақларды дана қылады» (Заб 18:8).
3. Сен әўметке ерисесең. Егер сен Қудайдың ўəсиятларын орынлап жасасаң, сениң өмириң өзгереди. «Нызам китабында жазылған сөзлерди аўзыңнан түсирме. Онда жазылғанардың барлығын орынлаўға тырысыў ушын, ҳаққында күни-түни ойлап жүр. Сонда сен табысқа ийе болып, мақсетиңе ерисесең». (Еш 1:8).
4. Сен ҳадаллықта жасайсаң. Егер сен Қудайдың барлығына қуўаныўды қəлесең, өмириң тазалық ҳəм минсизликтиң үлгиси болыўы керек. Бирақ Қудайдың сөзиниң ҳəрекети болмаса ҳадаллықта жасаў мүмкин емес. «Жас жигит қалай таза жол менен жүре алады? Сөзиңе бойсынып соны ислей алады» (Заб 118:9).
5. Сен бойсыныўшылықта жүресең. Егер сен Қудайдың нызамының мəнисин түсинбесең, онда сен оны қалай орынлай аласаң? «Ийса, буйрықларыңның жолын көрсет, оны ақырына шекем қолланаман. Тəлимиңе түсиник бер бағынайын. Оған шын жүректен бойсынайын. Ўəсиятларыңның жолынан мени жүргиз, содан мен қуўаныш табаман» (Заб 118:33–35).
6. Сен Қудайдан қуўанышқа ийе боласаң. Егер Қудайдың сөзи сениң жүрегиңе тəсир етпесе, сен қəўетер ҳəм тынышсызланыўдан азат бола алмайсаң. «Жаратқан Ийениң буйрықлары əдил, жанымды олар жаңартады. Жаратқан Ийениң ўəсиятлары сондай нурлы, көзлерди ашып жарқыратады» (Заб 18:9).
7. Сен исенимде өсесең. Сен Қудайдың сөзин оқымай ҳəм тыңламай исенимде өсе алмайсаң. «Демек, исеним еситиў арқалы пайда болады, ал еситиў Масих ҳаққында сөздиң жəрияланыўы арқалы болады» (Рим. 10:17).
8. Сен еркинлик аласаң. Қудайдың сөзин үйренбей, сен өзиңниң неден азат болыўың кереклигин түсинбейсең. «…Егер Мениң сөзлерим бойынша жасасаңлар, ҳақыйқый шəкиртлерим боласызлар. Сизлер ҳақыйқатты билип аласызлар, ҳақыйқат сизлерди азат қылады» (Юх 8:31–32).
9. Сен тынышлыққа ийе боласаң. Қудай саған өзиңди қоршаған адамлар бере алмайтуғын тынышлықты береди, бирақ алдын сен усы тынышлықты Оның сөзинде табыўың керек. «Тəлимиңди сүйгенлер тынышлыққа бөленеди, олар ҳеш нəрсеге сүрникпей, аман-есен жүреди» (Заб 118:165).
10. Сен жақсылықты жаманлықтан айырыўды үйренесең. Ҳəммеси сондай қатнаслы болған заманагөй дүньяда сен Қудайдың сөзи болмаса нениң жақсы, ал нениң жаман екенин айыра аласаң ба? «Гүна ислемеў ушын Саған қарсы, жүрегиме сақладым айтқанларыңды» (Заб 118:11).
Баҳалы ғəзийнени излеп
Қудайдың сөзи өзинде қулақ еситпеген ғəзийнени сақлайды — алтын ҳəм баҳалы таслар — оларды тек «таўып алыў» ды билиў керек. Баҳалы таслар ҳəм металларды жерден алғаннан кейин ысқылап жылтыратыўға мүтəж болғаны сыяқлы, Қудайдың сөзиниң байлығы да өзлеримизге барлық саўлаты ҳəм нуры менен Қудайдың ўəделериниң сулыўлығы ашылыўы ушын жүреклеримизде болатуғын тазаланыў ҳəм қайта ислениўге мүтəж. Ҳəр сапары Қудайдың ўəделерин кеўлиңнен өткергениңде ол сен ушын жарығырақ жарқырай баслайды.
Сен Қудайдың сөзинде табыўың мүмкин болған ең əжайып ғəзийнелердиң бири — бул Қудайдың даўысы. Бизлер бул даўысты дəл оқып ямаса тыңлап атырғанымызда Өзиниң сөзи арқалы бизлер менен Қудайдың сөйлескени себепли есите аламыз. Егер Оның бизлерге Өз сөзинде айтып атырғанын еситиўди билмесек, бизлер Қудайдың даўысын билиўди үйренбеймиз. Мухаддес Китапты қаншелли көп үйренсең, сен ушын Оның даўысын билиў соншелли аңсат болады ҳəм Сениң шайтанның өтиригине исениў мүмкиншилигиң соншелли аз болады.
Масихый өмиримниң ең басында мен депрессиядан жийи қыйналдым. Бул мениң Қудайдың сөзине мүрəжат етиўди басламағанымша даўам етти. Мухаддес Китапты бир неше минут оқыў — тынышланыў ҳəм жəне үмитке ийе болыў ушын жетерли еди. Бул Қудайдың сөзиниң бизлерге ойларымызды тəртипке келтириўге ҳəм ҳақыйқатты анық көриўге жəрдем беретуғыны менен түсиндириледи. Ол бизлерди өзлеримиз ушын набыт етиўши ҳəм зыянлы ойлардан азат етеди ҳəм бизлерге өмирдиң қуўанышын бар толықлығында сезиўимизге жəрдем береди. Ол үмит береди ҳəм туўры жолды көрсетеди. Ол бизлерге толық өмирдиң имаратын соға алатуғындай беккем негизди тəмийинлейди. Қудай менен ушырасыўды ҳəр күни Оның сөзинен изле, себеби Ол бул ушырасыўды қəлейди ҳəм сеннен жуўаплы реакцияны күтеди.
Бəрҳа Қудайдың сөзинде болыўдан тысқары Қудайға жақынлаўға жүрегиңди тазала ҳəм кешириўди үйрениўге, Оның еркине бойсынып жасаўға, ойыңды басқарыўға, душпанға ылайықлы соққы бериўге ҳəм Ийсаны өмиримниң Ийеси деп көриўден басқа усыл жоқ. Мухаддес Китап — бул сениң компасың ҳəм жол көрсетиўшиң. Ол болмаса сен ҳеш ўақытта мақсетиңе жете алмайсаң.
Қудайым, мен Сениң сөзиңди тек тыңлаўшы емес, ал оны орынлаўшы болыўды қəлеймен. Маған сондай болыўға жəрдем бер. Мухаддес Жазыўды Сениң еркиңе сəйкес түсиниўди маған үйрет. Маған неде бойсынбай атырғанымды ашып көрсет. Жүрегимди Өзиңниң ўəсиятларыңа ҳəм қулақларымды Өзиңниң ақыллы сөзлериңе аш (Сул. 23:12-қа қараң). Сениң сөзиң мениң өмирлик жағдайымды сапластырсын ҳəм маған өзимниң жердеги арналыўым ҳаққында еслетип турсын. Ол мениң жүрегимди тазаласын ҳəм маған кемшиликлеримди жеңиўиме үмит берсин. Оны оқып, мен исенимде өсейин, бəрҳа Сениң Ким екениңди ҳəм мени қаншелли жақсы көретуғыныңды есте тутайын. Сениң сөзиң маған өмиримниң Сениң қолыңда екенине ҳəм Сен барлық мүтəжликлеримди толықтыратуғыныңа исеним берсин.
Қудайым, Мухаддес Жазыўда Сени табатуғыным ушын Саған миннетдарман. Сениң сөзиңди үйрениў арқалы Сени жəне де жақсырақ билиўиме маған жəрдем бер. Мухаддес Китапты ҳəр сапары оқығанымда қулақларым Сениң даўысыңды еситсин (Мк 4:23-қа қараң). Мен өзимди Сениң алып жүрген жолыңнан шығыўды қəлемеймен. Сениң даўысыңды еситип ҳəм Сениң изиңе ерип, мен бəрҳа дəўлетли өмирге ийе боламан; Сен көрсеткен жолдан шығып, мен бослықтан азап шегемен. Мени алып жүр, жетилистир ҳəм мени ҳəр күни Өзиңниң сөзиңе толтыр.
«Қудайдың сөзи тири ҳəм тəсирли. Ол еки жүзли қылыштан да өткир болып, жан менен руўхты, буўын менен сүйеклерди бөлетуғын дəрежеде суғылып киреди: ол жүректеги ой ҳəм нийетлерди əшкара қылады»
«Бирақ азатлық бериўши минсиз нызамға анықлап қарайтуғын ҳəм ол бойынша жасайтуғын адам умытшақ тыңлаўшы болмай, оны ис жүзинде қолланады. Бундай адам өз ислери менен бахытлы болады»
«Қандай бахытлы сол адам, Напəк адамлардың мəслəҳəти менен жүрмейтуғын, Гүнакарлар жолына кирмейтуғын, Ҳəм бузықлар арасында отырмайтуғын. Ал оның ерки Жаратқан Ийениң нызамында, Ҳəм күни түни ой-пикири Оның нызамында, Бул адам мегзейди мийўе терекке, Ағар суўдың бойына отырғызылған, Мəўсиминде мийўесин беретуғын, Жапырағы солмайтуғын, Ол не ислесе де табыслы болар».
«Бирақ Қудайға деген сүйиспеншилик Оның сөзин орынлаған адамда ҳақыйқаттан кəмал табады. Қудай менен бирге екенимизди усы арқалы билип аламыз».
«Унамлы сөз балдай болар, Жанға жағымлы ҳəм денеге шыпадур».
ТОҒЫЗЫНШЫ БАП
Тавита Масихтың шəкирти еди. Шәкирти! Бул оның Ийсаның ўəсиятларын орынлаўшы исениўши адам екенин билдиреди. Ол көп жақсы ислер иследи ҳəм жақынларына мийримли болды. Соның ушын көпшилик адамлар оны қатты жақсы көретуғын еди.
Ийсаның атанақ ағашқа қағылып ҳəм қайта тирилгенинен бир неше ўақыттан кейин Тавита аўырды ҳəм өлди. Бир неше адам он еки елшиниң бири болған Петрди излеп кетти ҳəм оны Тавитаниң денесин қəбирге қойыўға таярлап атырған үйге алып келди. Үйге кирип, Петр ол жатырған бөлмеге көтерилди. Жылап атырған ҳаяллардан бөлмеден шығыўды илтимас етип, ол дуўа етиў ушын дизерлеп отырды.
Дуўа етип болып, ол өли денеге бурылды ҳəм: «Тавита! Тур!», — деп айтты. Ол сол ўақытта көзин ашты ҳəм отырды. Қолын созып, Петр оған турыўға жəрдем берди. Тавитаның тирилгенин көрип, көпшилик адамлар Қудайға исенди (Елш 9:36–42-ға қараң).
Тавита ҳаққында бизлерге басқа ҳеш нəрсе белгили емес, бирақ бул қысқа гүрриңнен усы ҳаялдың өмиринде бириншиликлер дурыс қойылғаны анық. Ол Қудайды сүйетуғын еди. Ол адамларды сүйетуғын еди. Онда бойсынған жүрек бар еди. Өзиниң өмири менен ол Қудайға унады ҳəм əтираптағыларды жарылқады. Ол туўралы барлық мағлыўмат бир сөзде — «шəкирт» сөзинде қуралған.
Тавита аўырып ҳəм өлген ўақытта Қудай ол ушын дуўа етиўге ҳəм оны тирилтиўге Өзиниң садық шəкиртлериниң бирин жиберди. Қудайдан белгиленген жолынан алыста өз өмири менен жасап жүзеки исениўши болғанда, бундай нəрсе жүз бериўи мүмкин бе? Егер Тавита Қудайды сүймегенде бундай болар ма еди? Егер ол басқа адамларға бийпəрўа болғанда ше? Егер оның көкирегинде бойсынған жүрек урмағанда не? Егер ол өзин басқаларға бермегенинде ше? Егер ол Қудайға қулақ аспайтуғын болғанда ше? Бəлким, яқ. Тавитаның өмиринде толық тəртип орнаған еди, соның ушын Қудай оны жарылқады ҳəм оған екинши өмирди саўға етти. Дəл соны Қудай сен ушын да ислеўди қəлейди, егер, əлбетте, бизлер өмиримиздеги биринши орынды Оған бериўге таяр болсақ.
Жоқары бириншилик
Егер бириншиликлер надурыс қойылған болса, бизлердиң өмиримиз əўметли бола алмайды. Ал, бириншиликлерди қойыў менен бизлер ҳəр күни шуғылланамыз. Бирақ бизлер өмиримизди тəртиплестириўге өзлеримиз уқыплы емеспиз. Буның ушын бизлерге Мухаддес Руўхтың басшылығы ҳəм Қудайдың сөзин жақсы билиўимиз керек. Бизлердиң ең баслы еки бириншилигимиз ҳаққында Мухаддес Жазыўда Ийсаның Өзи айтты: «Ийең болған Қудайыңды пүткил жүрегиң, пүткил жаның, пүткил ақыл-ойың менен сүй». Бул биринши ҳəм ең уллы ўəсият. Екиншиси: «Өзиңди сүйгениң сыяқлы, жаныңдағы адамды да сүй» (Мт 22:37, 39-ға қараң). Буннан да анығырақ айтыў мүмкин емес. Егер сен усы еки ўəсиятты — Қудайға сүйиспеншилик ҳəм жақыныңа сүйиспеншилик — деген баслы бириншиликлерди тəн алсаң, онда қалған əдеп-икрамлық қағыйдаларды өмириңде дурыс қоя аласаң.
Өмириңдеги баслы нəрсе өзиңниң Қудай менен қатнасың болыўы керек. Қудай: «…Мениң көз алдымда сениң басқа қудайларың болмасын» (Шығ. 20:3), — деп айтты. Бул ҳақыйқаттан усындай. Қудайға сениң бөлинбейтуғын дыққатың керек. Егер сен ҳəр күни Оның жүзин излесең ҳəм өмириңди тəртипке келтириўге Оннан жəрдем сорасаң, онда Ол саған жуўап береди. Егер бизлер биринши орында Қудайды излемесек, өмиримиз қадағалаў астынан шығатуғынын мен өз тəжирийбемнен билемен. Нəтийжеде бизлер оларды басқарыўдың орнына, шараятлар бизлерди басқара баслайды.
Қудай — тəртиптиң Қудайы. Буның дəлили болып астан-кестенлик ямаса тосаттан ҳеш нəрсе болмаған əлемниң дүзилиси хызмет етеди. Усындай болып бизлердиң өмиримиз де дүзилиўи керек, себеби бул Қудайға унамлы: «Бирақ, ҳəммеси де əдеп ҳəм тəртип пенен исленсин» (1 Кор. 14:40). Егер бул ҳаққында дуўа етсек, Ол бизлерге жəрдем береди. Ол күшли ҳəм исенимли бийликтиң қанаты астында қалай паналаўымызды, басқаша айтқанда, Оның күшиниң панасы астына кириўди бизлерге көрсетеди. Бул бизлердиң Қудайдың жарылқаўларына қарай жол бойынша қозғалыўымыз ушын жүдə əҳмийетли.
Бойсыныў машқаласы
Бойсыныў — бул өзиң ийе болыўды шешетуғын сыпат ҳəм буған ҳеш ким сени мәжбүрлей алмайды. Егер сен пүткил жүрегиң менен буны қəлеген жағдайыңда ғана өзиңди бойсындырыўға болады. Бойсынған жүрекке ийе болыў — өзиңди Қудайдың еркине бойсындырыў ҳəм бағындырыўға таяр болыўды билдиреди.
Бойсыныўға ийе болыў ушын «Қудайға бағыныўға» бəрҳа талпыныў керек (Яқып 4:7). Буннан келип шығып, сен Қудайдың ўəсиятларын бузыўға өзиңди тартатуғынның еркине бойсынбаўың керек. Сен бойсынған жүрекке ийе болыўың мүмкин ҳəм соның менен бирге өзиңниң намысыңды аўырластыратуғын ҳəм Қудайдың ўəсиятлары менен қарама-қарсы келетуғыннан узақласыўың керек.
Мысалы, егер өмириңде əҳмийетли роль ойнайтуғын адам сени Қудайдың тəлимине сəйкес келмейтуғын жаман исти ислеўге тартса, сен оннан узақласыўға ҳəм оның усынысын уятсыз деп тəн алыўға миннетлисең. Усының менен бундай адамның бетине: «Сен ақмақсаң! Ақмақ! Сениң менен не болды? Меннен кет, шайтан!» — деп бақырыўдың кереги жоқ. Буның орнына оған: «Сизге (саған) деген ҳүрметим менен мен сизиң (сениң) усынысыңыздың Қудайдың нызамын бузатуғынын көрип турман ҳəм мен ҳүжданыма қарсы бара алмайман, себеби буның екеўимизге де Қудайдың ғəзебин алып келетуғынын билемен», — деп əсте түсиндириў керек. Ямаса мынадай етип: «Сизиң (сениң) сөзиңиз ҳəм сизиң (сениң) қылмысыңыз маған қатнасы бойынша Қудайдың көз алдында жеркенишли ҳəм мен сизиң (сениң) ылайықсыз жүрис-турысыңыз я маған, я сизге (саған) жақсылыққа болмайтуғынын айтыўым керек».
Егер бизлер жүректен бойсынған болсақ, онда бизлерге жарылқаў кепил етилген, егер яқ болса, онда бизлерди кеўилсизликлер күтип турыпты.
Ийсаның Өзи Өзин Қудайдың алдында бойсындырды. Сөзсиз, Ол бириншиликлерин дурыс қойды. Қудайға бизлерде мыналар болғаны унайды, «Масих Ийсада болған мына кишипейилликке сизлер де ийе болыңлар: Масих қудайлық тəбиятқа ийе бола тура, Қудайға тең атақты алыўға умтылыўды Өзине минəсип көрмеди. Ал Өз уллылығынан ўаз кешип, қул келбетин қабыллады. Ол адам болып туўылып, адам көринисинде келди. Ол Өзин пəс тутты ҳəм өлимге, ҳəтте, атанақ ағаштағы өлимге барып, Қудайға бойсынды» (Флп 2:5–8). Мине ҳақыйқый бойсыныў! Итимал егер кимдур бойсыныўға мүтəж болған шығар, бирақ Ийса емес. Не ушын бундай алғышлықты Ийса көрсетиўи керек еди деп соралады? Өзине Қудайдан белгиленген, Өзиниң өмириниң баслы исин орынлаў ушын. Бул мақсетке жетиў ушын Ол Әкениң еркине бойсынды, Өзин хорлады, көз алдыңа келтире алмайтуғындай азап шекти. Жəне азаплы өлимди қабыл етти. Бизлерге Ийсаға еликлеў ушын қандай анық үлги болып табылады.
Исеним үзилген ўақытта
Көпшилик ҳаяллар ушын бойсыныўға ийе болыў жүдə қыйын. Буның себеби қашанлардур оларға қыянет еткенинен ибарат, ал олардың басқа адамның алдында бойсыныўы өзлери ушын үлкен қайғыға айланды. Ҳеш ким аяқты сыпыратуғын төсек болыўды ямаса ашыўын алыў ушын қубылыс болыўды қəлемейди. Қудай сен ушын буны қəлемейди. Ол сениң сөзсиз робот болыўыңды қəлемейди. Соның ушын сен Қудайдан даналық сораўың керек. Бул қатты аўырық келтиретуғын сораў ҳəм оны тек Оның даўысына дыққат пенен қулақ асып шешиўге болады.
Мен аўыр еслеўлерден қыйналып атырғанларды жигерлендиргим келеди. Қудай сениң ойланбастан ислеўиңди, қандай да қағыйда ушын если санаңды қурбанлыққа алып келиўиңди ямаса жалатайдың қолынан қыйналыўыңды қəлемейди, — яқ, егер сен сорасаң, Ол саған даналықты бериўди қəлейди. Қудайдың сөзин менсинбейтуғын, Оның мухаддес нызамын бузатуғын ҳəм сениң ҳүжданыңның тазалығына киретуғын адамды тыңлаў — бул туңғыйыққа түсиў дегенди билдиретуғынын түсиниўиң керек.
Маған ақыр-аяғында өлтириўге шекем апарған есерсоқ-күйеўиниң алдында бойсыныўшылық көрсеткен бир ҳаял ҳаққындағы ўақыя белгили. Ол руўхый айырып билиў сыйына ийе емес еди, себеби Қудайды өмиринде биринши орынға қоймады ҳəм Оның басқарыўын сорамады. Ол жəрдемге мүражат етиўи керек болса да бахытсызлық боламан дегенше зорлық атмосферасында, болды. Бул усы жағдайда улыўма зəрүр еди. Ҳаял бойсыныўшылықты емес, ал ақмақлықты көрсетти.
Мен басқа ҳаялдың күйеўине бойсыныўдан бас тартқан ҳəм нəтийжеде шаңарағын ҳəм үйин жоғалтқан ўақыяны билемен. Оның бундай қылығының себеби оның жас өспиримлик ўақтында жынысый зорлықтың қурбаны болғанынан ибарат еди ҳəм соннан берли оның алдында бойсынатуғындай бирде бир еркекке исенбейтуғын еди.
Алтын орайды табыў зəрүр, ал бул тек Қудайдың алдында биринши орынға бойсыныў шəртинде мүмкин болады. Өзиңди бойсындырыў керек болған адамға қатнаслы ақыллы болыўды үйретиўин Оннан сора. Соқырлықта ҳəм турпайы болып ҳеш ўақытта бойсынбаў керек. Егер сен дурыс ислеўди ҳəм өмириңди дурыс шөлкемлестириўди қəлесең, Қудай саған теңликке ийе болыўыңа жəрдем береди.
Ҳəммеси өз орнында турады
Мухаддес Китапта өзиңди жəмəəтте, шаңарақта, жумыста ҳəм ҳүкиметте Қудай тəрепинен қойылып, бийлик берилген адамлардың алдында бойсындырыў — бул бизлердиң ўазыйпамыз екени айтылған. Өмиримиз əўметли ҳəм тəртиплестирилген болыўы ушын бизлер ширкеўлескен болыўымыз керек. Бул ҳəммесиниң тийкары, себеби бул болмаса бизлер алдымызға Қудайдың қойған мақсетине жете алмаймыз.
Ҳəр бир жəмəəттиң өзиниң ўазыйпасы бар ҳəм сен, егер сен өзиңе Қудайдың белгилегенин таппасаң бахытлы бола алмайсаң. Бул өзиңе айрықша идеал көринетуғынын излеп түрли жəмəəтлерге жуўырыўың керек дегенди билдирмейди. Бундай улыўма жоқ. Себеби ибадатханалар сен менен мендей минсиз емес адамлардан қуралған. Солай екен, сен Қудайдан өзиңдики болатуғын сол жəмəəттиң шаңарағына алып барыўын сораўың керек.
Егер сен «өз» жəмəəттиңде болсаң, онда шопанның ўазлары сен ушын руўхый өсиў тараўында əҳмийетли ҳəм исенимге ылайықлы көрсетпе болады. Бирақ сен бəри бир Қудайдың даналығына ҳəм Қудайдың басқарыўына мүтəжсең. Егер жəмəəттеги жетекшилер ҳақыйқат жолынан шығып, уятсыз өмир образын алып барып атырған болса, егер сен жəмəəтте Қудайдың ўəсиятлары бузылып ямаса Қудайдың сөзи бурмаланып атырғанын көрсең, онда сен бундай баслыққа бойсыныўға миннетли емессең. Қудайдан өзиңди гүнаға патасланған жəмəəттен алып шығыўын сора.
Бизлердиң ҳəммемиз өзлеримизди ҳақыйқат жолында үйрететуғын шопанға, күшли масихый жетекшиге ямаса устазға мүтəжбиз. Қудай оны саған əлбетте көрсетеди. Мени надурыс түсинбе: бул жерде бизлер сүриў ҳаққында айтып атырған жоқпыз. Сен ушын руўхый жетекши Қудайдың орнына сыйыныўды усыныс ететуғын адам емес, ал тек Қудайдың жибергени бола алады. Бул жерде жыныс сораўы əҳмийетке ийе емес. Мухаддес Китапта: «…еркек пенен ҳаялдың арасында ҳеш қандай айырмашылық жоқ. Өйткени ҳəммеңиз Масих Ийсада бирсиз» (Гал. 3:28), — деп айтылған. Бул жерде гəп ҳақыйқатты саған сүйиспеншилик пенен айтыўға ҳəм сен ушын ҳəм сениң менен бирге дуўа етиўге уқыплы адам ҳаққында кетип атыр.
Қудайдың ҳəм ҳүкиметтиң нызамлы елшилериниң алдында бойсыныўың кереклигинен тысқары, сен жəне «Масихқа деген хызметиңиз себепли, бир-бириңизге бойсыныўыңыз» (Еф 5:21) ушын əтираптағы адамлар менен дурыс қатнасты дүзиўиң керек. Егер оларды өзиңди сүйгендей сүймесең, адамлардың алдында бойсыныў мүмкин емес. Бунда машқаланың шешиминиң гилти жасырынған. Егер сен ҳəммесинен алдын Қудайды, ал кейин жақынларыңды сүйетуғын болсаң, онда сениң барлық бириншиликлериң керекли орында өзлери турады ҳəм сениң өмириңде тəртип болады. Егер сен Қудайдан бириншиликлериңди дурыс қойыўды үйретиўин сорасаң, Ол саған əлбетте жəрдем береди.
Маған бойсынған жүрек бер. Ҳүкимет басқарыўшыларына ҳəм шаңарақта, жумыста, жəмəəтте ылайықлы адамларға бəрҳа бағыныўға жəрдем бер. Мениң руўхый жетекшим бола алатуғын адамды маған көрсет. Мен ушын Өзиң таярлап қойған ибадатханаға мени алып бар. Өмиримниң ҳəр бир тараўында «дурыс» адамлар менен қатнас қурыўға ҳəм олардың алдында өзимди билип турып бойсындырыўға жəрдем бер. Кимниң алдында бойсынбаўым кереклигин ҳəм буны қалай ислеўди көрсет. Маған бул сораўда даналық ҳəм айырыў сыйын бер. Ылайықлы адамлардың алдында ислеўим керек болғандай қашан бойсынбағанымды көрсет.
Өмиримди тəртипке келтирмей, Сениң жарылқаўыңды ала алмайтуғынымды мен билемен. Сондай-ақ, мен, егер ҳəммесинен бурын Сени излесем, қалғанлары маған берилетуғынын билемен (Матта 6:33-қа қараң). Усы күнде мен Сени излеўди қəлеймен, Қудайым, өмиримде керекли тəртипти ислеўиме жəрдем бериўиңди сорайман. Маған мен ушын Өзиң таярлап қойған руўхый қорғаныў қатламы астынан ҳеш ўақытта шықпаўға даналық бер.
«Ең алды менен Қудайдың Патшалығын ҳəм Оның ҳақлығын излеңлер! Сонда булардың ҳəммеси сизлерге қосымша етип бериледи»
«Өз жанын сақлап жүрген адам оны жоғалтады, ал жанын Мен ушын жоғалтқан адам оны сақлап қалады»
«Ҳəй жаслар, сол сыяқлы сизлер де ақсақалларға бойсыныңлар. Ҳəммеңиз бир-бириңиз бенен кишипейил қатнаста болыңлар. Себеби: „Қудай менменлерге қарсы турады, бирақ кишипейиллилерге Өз мийримин береди“»
«Қудайды сүйетуғын адам өз туўысқанын да сүйиўи тийис, — деген буйрықты бизлер Масихтан алғанбыз»
«Жетекшилериңиздиң сөзлерин тыңлаңлар ҳəм оларға бойсыныңлар. Себеби олар сизлер ушын Қудайға есап беретуғын адамлар болғанлықтан, жанларыңызды қараўыллайды. Олар бул хызметин қуўаныш пенен, налымай атқарыў ушын, оларға қулақ асыңлар. Болмаса, өзлериңиз зыян көресизлер»
ОНЫНШЫ БАП
Мен телевидениеде қосық айтыўшы, аяқ ойыншы ҳəм актриса болып ислеген ўақтымда (сол ўақытта мюзикллер айрықша атақлы еди) маған бир күнде бир қосықты көп мəрте ҳəм оның хореографы менен шуғылланыўыма туўра келетуғын еди. Кейин мен келеси күнге белгиленген шоу ушын фонограмма жазыўына кеште сансыз көп мəрте айтыўым керек еди. Фонограмма маған бир ўақытта микрофонда қосық айтыўға ҳəм ойынға түсиўге туўра келгени себепли керек еди, ал бул болса жүдə қыйын еди. Соңғы таярлық ямаса концерттен кейин кеште үйге келип, мен басымда еситилиўди даўам еткен қосықтан ҳеш азат бола алмайтуғын едим. Сол себепли мен уйқысызлықтан қыйналатуғын едим.
Дəл сондай бизлер менен бир алғыс гимнлерин ҳəм сыйыныўларды көп мəрте айтқан ўақтымызда болады. Бизлер Қудайды алғысламаған ўақтымызда да, мысалы, түсимизде оларды еситиўди даўам етемиз.
Бул маған көп жыл алдын Масихқа исенген ўақтымда ашылды. Ол ўақытта мен күшли депрессиядан азап шегетуғын едим ҳəм тек усы шаршаған ҳəм езилген жағдайдан қутылыў ушын Қудайға алғыс гимнлерин айтып ҳəм Оны алғыслаўға түнде жийи туратуғын едим. Усының себебинен мен көп шыпакерлерге мүрəжат еттим, бирақ олардың жазып берген дəрилери жəрдем бермейтуғын еди. Дəрилердиң тəсири тамам болыўдан, машқала жəне пайда болатуғын еди. Мен дəрилерге қарсы ҳеш нəрсеге ийе емеспен, бирақ мен адамлардың барлық аўырыўлардың жалғыз дурыс усылы сыпатында дəрилерге табыныўына қарсыман. Депрессия мени анам шоланға қамаўды баслаған ўақыттан баслап балалықтан қыйнайтуғын еди. Үмитсизлик, дуўшар болыўшылық ҳəм қапашылық сезими мениң ҳəр күнимди қапаландыратуғын еди. Маған Қудайдан қуўаныш дəриси салыныўы керек еди, ал бул сезим маған тек Қудайды мақтап ҳəм алғыслаған ўақтымда келетуғын еди.
Мен Қудайды алғыслап ҳəм Оған табынған ўақтымда, мениң руўхым қуўанатуғын еди. Мен Оған миннетдаршылық ҳəм алғыс пенен барғанымда мениң денемди, ойымды, жанымды ҳəм руўхымды Қудайдың қуўанышы толтыратуғын еди. Ҳəр сапары усылай болатуғын еди.
Мен табыныў гимнлери бар кассеталарды, ал кейин компакт-дисклерди сатып алыўды басладым. Мен оларды машинада, монша ханасында, асханада, аўқат писирип атырғанда, үй жумысы менен шуғылланып атырғанда, хабарды көрип шығып жазыў столында отырғанда еситетуғын едим. Айырым ўақытлары мен алғыс гимнлерин өзим айтатуғын едим, бирақ көбинесе оларды өзимнен ҳəм қыялымнан өткерип тыңлайтуғын едим. Албыраў, шаршаў, қорқыныш ямаса қəўетер сыяқлы усындай жаман көринислерге Әкесин алғыслайтуғын Қудайдың баласының жүрегинде орын жоқ екени мени таң қалдырды. Нəтийжеде мен депрессиядан толық қутылдым. Қудайды алғыслаўдан басқа адамның жүрегин өзгертетуғын күшлирек ҳəм тəсирлирек усыл жоқ. Бизлер Қудайды алғыслап ҳəм Оған табынған ўакытта ҳəр сапары Ол бизлерге келеди ҳəм Мухаддес Руўхқа оларды жумсартыў ҳəм өзгертиўге мүмкиншилик берип, жүрегимизди өзгертеди.
Қудайға табыныў денемизге онша унамайтуғыны себепли, бизлерге оны буған мәжбүр етиўимизге туўра келеди. Әдетте бизлер бул исти өмиримиздеги биринши орынға қоймағанымыздан, бизлер өзлеримизди тəртиплестириўге ҳəм шараятқа қарамай, оған ўақыт ажыратыўға мəжбүрмиз. Сен: «Мен Қудайды алғыслайман», — деп айтыўың керек. Әлбетте, бизлер Қудайды қаншелли көп билсек, Оны алғыслаў бизлерге соншелли аңсат болады. Ал, егер бизлер Қудайды алғысламасақ болмайтуғындай дəрежеге жетсек, онда демек, бизлер керекли руўхый өсиў дəрежесине жеттик. Егер сенде Қудайды алғыслаўға қəлеў болмаса, 102-Забурды оқыўға ҳəм Қудайға табыныў ушын жигирма себеп табыўға ҳəрекет ет. Маған бул бəрҳа жəрдем береди.
Қудайға табыныў ушын əҳмийетли жигирма себеп
1. Ол мениң барлық гүналарымды кеширеди.
2. Ол мениң барлық аўырыўларымды шыпалайды.
3. Ол мениң өмиримди қәбирден азат етеди.
4. Ол мени мийрим ҳәм сақыйлықлар менен тажлайды.
5. Ол мениң қәлеўлеримди жақсылыққа толтырады.
6. Ол ҳақыйқатты ҳәм қапа болғанлардың үстинен судты жаратады.
7. Ол Өзиниң жолларын көрсетеди.
8. Ол ийгиликли.
9. Ол сақый.
10. Ол ақырына шекем ашыўланбайды.
11. Ол мийримли.
12. Ол мәңги қәҳәрленбейди.
13. Ол бизлерге гүналарымыз бойынша бермеди.
14. Ол Өзинен қорқатуғынларға мийримли.
15. Ол бизлерди өзимиздиң әдалатсызлықларымыздан узақластырады.
16. Ол бизлерди кеширеди.
17. Бизлердиң жердеги топырақ екенимиз Оның ядында.
18. Оның мийрими әсирден әсирге.
19. Ол Өзиниң ўәсиятларын есте тутатуғын бизлердиң балаларымызды ҳәм ақлықларымызды жарылқайды.
20. Ол Өзиниң тахтын аспанға қойды ҳәм Оның Патшалығы ҳәммесине ийе.
Оның жолларын алғысла
Егер бизлер Қудайды билемиз ҳəм сүйемиз деп ойласақ та, бирақ Оны ҳəр күни алғыслап ҳəм уллыламасақ, бизлер қараңғылықта боламыз ҳəм Оның ҳақыйқый жүзин көрмеймиз. «Олар Қудайды билсе де, Оны Қудай деп уллыламады ҳəм Оған шүкирлик билдирмеди. Керисинше, олардың ой-қыяллары бос болып, ақылсыз кеўиллерин қараңғылық қаплады» (Рим 1:21). Ол ылайықлы болған алғысты Қудайға айтпай, бизлер өзимизди қатты кемситемиз. Бизлер тек өзлеримиздиң уллы Қудайымыздың ҳақыйқый ықласбентлери болмағанымыз себепли ғана өмирдиң мəнисине ерисиўге қатты ҳəрекет етип, қараңғылықта адасыўды қəлемеймиз.
Ийемизге алғыс айтыўдың Қудайға унамлы бес усылы
Қудайға бизлердиң Өзине шын жүректен табыныўымыз унайды, бирақ бизлер буны Оның қəлеўлери менен сəйкес ислеўимиз керек.
1. Қудай бизлердиң Өзине алғыс айтыўымызды қәлейди. «Жаратқан Ийени алғыслаңлар! Қудайымызды қосық пенен алғыслаў жақсы, бул қандай унамлы ҳəм жарасады» (Заб 146:1). «Жаратқан Ийеге хызмет етиң қуўанып, келиңлер алдына қуўанып, қосық айтып» (Заб 99:2).
2. Қудай бизлердиң Өзине қолларымызды көтериўимизди қәлейди. «Мухаддес орнына қарап қол жайып, Ийемизди мақтаңлар» (Заб 133:2).
3. Қудай бизлердиң Өзин аўызларымыз бенен алғыслаўымызды қәлейди. «Сонлықтан, Ийса арқалы Қудайға үзликсиз мақтаўларымызды қурбанлық сыпатында усынайық. Яғный, Оның атына деген алғысларымыз аўзымыздан түспесин» (Евр. 13:15).
4. Қудай бизлердиң Өзин нама инструментлерин шертип ҳәм аяқ ойынға түсип алғыслаўымызды қәлейди. «Қосық айтып алғыслаң Оның атын, жəнжелпаз бенен қосық айтсын» (Заб 149:3).
5. Қудай бизлердиң Өзине исениўшилердиң жыйналысында табыныўымызды қәлейди. «…Қудай, Сениң атыңды туўысқанларыма жəрия етемен, олардың жыйынында Сени алғыслайман» (Евр. 2:12).
Исениўшилердиң жыйналысында Қудайды алғыслаў ҳəм Оған табыныў — бизлердиң Қудайға хызметимиздиң ең əҳмийетли түрлериниң бири. Биргеликтеги дуўа етиўдиң күши шайтанның қурған қорғанын бузады ҳəм басқа жағдайларда улыўма мүмкин болмаған өмиримиздеги əжайып өзгерислерге жол ашады.
Ҳəзирги ўақытта ибадатхананың атмосферасы қандай болса да, Қудайдан сени Өзи көриўди қəлегендей Өзиниң ҳақыйқый ықласбенти етиўин сора. Оған табыныўға өзиңди қалдықсыз бер. Дем алып атырсаң ба, өзиңниң «Бəрқулла қуўанып, тынбай дуўа етип, қандай аўҳал болса да Қудайға шүкирлик билдириўге» шақырылғаныңды, өйткени «Масих Ийсаға тийисли болған сизлерге деген Қудайдың ерки усылар» екенин бил (1 Сал. 5:16–18). Жүрегиңде айтатуғын алғыс қосықлары сениң жаныңды түнде де қайта-қайта толтырады.
Саған «сақый ҳəм мийримли, сабырлы ҳəм рейимли» екениң ушын (Заб 144:8), «уллы» ҳəм «қорғаның беккем» ҳəм «ақылың шексиз» болғаны ушын миннетдарман (Заб 146:5). Саған бойсынғанларды көтерип ҳəм əдалатсызларды жоқ қылатуғының ушын миннетдарман (Заб 146:6-қа қараң). Саған шаршағанларға суд жаратып, аш болғанларға азық, қəпестегилерге еркинлик беретуғының ушын миннетдарман. Соқырлардың көзин ашатуғының ҳəм болдырғанларды тиклейтуғының ушын Саған миннетдарман (Заб 145:7–8-қа қараң).
Қудайым, əжайып нийетиң ҳəм үмитке толған мениң келешегим ушын Саған миннетдарман. Өмиримди бəрҳа жақсы тəрепке өзгертетуғының ушын Саған миннетдарман. Сен — мениң Шыпалаўшым, Қутқарыўшым, Кешириўшим, Әкем ҳəм Жубатыўшым болғаның ушын Сени алғыслайман ҳəм Саған миннетдарман. Өзиңди Өз сөзиңде, Өзиңниң Улыңда ҳəм жерге ҳəм мениң өмиримдеги Өзиңниң уллы ислериңде ашып атырғаның ушын Саған миннетдарман. Сүйиспеншилигиң, тынышлығың, қуўанышың, садықлығың, мийримиң, жақсылығың, ҳақыйқатың ҳəм шыпалаўың ушын Саған миннетдарман. Саған толық исене алатуғыным ушын миннетдарман, себеби Сениң Өзиң ҳəм Сениң сөзиң гүнасыз. Кеше, бүгин ҳəм мəңгиге Сол болғаның ушын Саған миннетдарман.
Қудайым, егер Саған табыныўды ҳəм Сен қəлегендей етип Сени алғыслаўды билмесем, мени кешир. Маған Өзиңе унайтуғындай етип пүткил жүрегим менен Сени алғыслаўды үйрет. Қудайым, мени Өзиңниң ҳақыйқый ықласбентиң қыл. Өмиримде болып атырған ҳəмме нəрсе ушын Саған миннетдаршылық билдириўди үйренейин.
Қудайым, мен Сениң атыңды усы күни уллылайман, себеби Сен ийгиликлисең ҳəм Сениң мийримиң мəңгилик (Заб 135:1-қа қараң). «Өмирден де артық мийримиң, аўзым Өзиңди мақтасын. Өмир бойы жалғыз сени алғыслайман, атыңды атап қолымды жаяман» (Заб 62:4–5). «Халықларға аштың уллылығын, бар халыққа Ийемиздиң кəраматларын» (Заб 95:3). Мен Сени Сениң мухаддеслигиңниң əжайыплылығында алғыслайман ҳəм Сениң атыңа даңқ беремен (Заб 28:2-қа қараң).
«Бирақ, ҳақыйқый сыйыныўшылардың Қудай Әкеге руўх ҳəм ҳақыйқатлық пенен сыйынатуғын ўақты келеди. Әне, сол ўақыт ҳəзир келди. Қудай Әке де Өзине усылай сыйынатуғынларды излеп атыр. Қудай — Руўх, Оған сыйынатуғынлар да руўх ҳəм ҳақыйқатлық пенен сыйыныўы тийис»
«Қудайға алғыс қурбанлығыңызды усының, Орынла Уллы Қүдиретлиге берген ўəдеңди, Қыйналған ўақтыңда, шақыр Мени, Мен сени қутқараман ҳəм сен алғысларсаң мени»
«Өзиңе үмит еткен қуўансын, шадланып алғыс қосығын айтсын, олардың бəрин Сен қоллап-қуўатлайсаң, Өзиңди сүйгенлер Сени мақсаныш етсин. «Ийем, Сен əдиллерди жарылқайсаң, мийримиң менен қалқандай болып қорғайсаң»
«Ким алғыс айтып қурбанлық келтирсе, Мени сыйлар, өз жолын дүзейтуғынларға, Қутқарылыў жолды көрсетемен»
«Мен пүткил жүрегим менен Сени алғыслайман, О, Жаратқан Ийе, Қудайлардың алдында қосық айтып, алғыслайман Сени. Сениң Мухаддес ибадатханаңның алдында бас ийемен, Сүйиспеншилик ҳəм садықлығың ушын, Саған шүкир айтаман. Себеби Сен атыңды ҳəм сөзиңди ҳəмме нəрседен жоқары қойдың. Мен Сени шақырғанымда, маған жуўап бердиң, Жүрегиме күш берип, мени жигерлендирдиң»
ОН БИРИНШИ БАП
Аш қарын менен уйқыға жибериўдиң не екенин билемен. Мениң ата-аналарым жүдə жарлы болды ҳəм үйимизде жийи ҳеш қандай азық ҳəм оны сатып алыўға да ақша жоқ болатуғын еди. Қорқынышлы ашлық сезими ҳаққында еслеўлер ҳеш ўақытта — ересек жасымда да мени таслап кетпеди. Бул қорқыныш мени усындай ҳеш ўақытта қайталанбаўы ушын жумыс ислеўге ҳəм жəне жумыс ислеўге қуўатуғын еди. Жас өспирим-досларымның топарында ўақыт өткериўдиң орнына, мен шемби ҳəм екшемби күнлери саатына 50 цент ушын бала бағыўшы болып жумыс иследим. Ҳəптениң қалған күнлеринде мен мектепте ҳəм колледжде оқыйтуғын едим. Колледжди питкергеннен кейин мен сол себептен еки жумыста иследим. Жанымның түпкиринде мен аўқатқа пулым жетпей қалыўынан бəрҳа қорқатуғын едим ҳəм мен өзимди аўыр мийнет пенен шаршататуғын едим.
Тек Қудайды билген ўақтымда, мен Оның Өзиниң балаларын тəмийинлейтуғынын түсине басладым ҳəм ақыр-ақыбет усы қорқыныштан азат болдым. Өзиме ғамхорлық қылатуғын Қудайға исене алыўым ҳаққында сол ўақытта қандай жеңиллениў менен таныған едим. Мен басқа албыраўға берилмедим, себеби Қудайдан барлық мүтəжликлеримди қанаатландырыўын сорай алатуғын едим.
Мен жумысты таңлаўда сайлайтуғын болдым ҳəм биринши ушырағанына жабысыўды тоқтаттым. Мен бəрҳа Қудайдан өзим ушын қандай жумысты арнағаны ҳаққында сорайтуғын едим. Маған, егер Қудай мен шуғылланып атырған исти басқарса ҳəм егер мен бул исти Оның даңқы ушын Оған арнасам, онда Ол оны əлбетте жарылқайтуғыны ашылды. Жумыс өзим ушын кери тартыўшылық болыўды тоқтатты. Мен Қудай бəрҳа өзимниң ўазыйпаларымды жақсы ислеўиме ҳəм жумысым əсте-ақырын ҳақыйқаттан жемисли ҳəм əўметли болыўына жəрдем бериўин сорайтуғын едим.
Ҳəр биримиз ушын жумыс бар
Сениң ким екениң онша əҳмийетли емес — күндизги бөлимниң талабасы; ири компанияның хызметкери; өзин-өзи тəмийинлейтуғын жалғыз ҳаял; үй бийкеси; искер ҳаял; нагиран; гүзетши; жалғыз ана; қайырқомлық бирлеспесиниң хызметкери — ким болсаң да, сен өзиңниң жумысыңды ислейсең. Сениң ким екениң үлкен əҳмийетке ийе емес — шоу-бизнестиң жулдызы ма ямаса тек Қудай көретуғын «кишкене» адам ба. Қанша ақша табатуғыныңның əҳмийети жоқ, себеби сен ислеп атырған жумыс Қудай ушын əҳмийетли. Жəне сен Оның өзиңниң мийнетиңди жарылқаўына үмит етесең.
Бизлер не ислесек те, жумысымызда жақсы ислеўди қəлеймиз. Егер жумыс келиссе, бул бизлерди қуўанышқа толтырады. Әтираптағыларға, шаңарақ ағзалары ушын, өзлеримиз ушын пайдалы қандай да жақсы нəрсени ислеп, бизлер қанаатланыўшылықты сеземиз. Егер мийнетимиз Қудайдан жарылқанбаса, бизлер кеўил қалыў ҳəм наразылықты бастан өткеремиз.
Мухаддес Китап идеал ҳаялдың образын уллы мийнеткеш сыпатында сүўретлейди (Сул. 31-қа қараң). Ол мүлкти сатып алады ҳəм сатады (көшпес мүлк бойынша ўəкил?); ол жүзимзарлыққа қарайды (бағман-декаратор?); кийим тигеди (модельер?) ҳəм оны сатады (кийим дүканының директоры?). Бул күшли, ғайратлы, түнге дейин мийнет ететуғын ҳəм өзиниң исин жақсы ислеп атырғанына исенимли ҳаял. Қудай бизлердиң əўметке қуўаныўымызды ҳəм разы болыўымызды қəлейди. Бирақ бул дуўасыз мүмкин емес.
Дуўа етиў бизлерге өмиримизди тартып алатуғын «басқаның ийгилигин қəлеў» диң (табысты қəлеў) (Сул. 1:19-қа қараң) ҳəм бизлерди гедей қылатуғын «жалқаў қолдың» арасында теңлик орнатыўымызға жəрдем береди (Сул. 10:4-қа қараң). Дуўа етиў бизлерди «байлық жыйнаўды» қəлеўден қорғайды (Сул. 23:4-ө), бирақ нəтийжеде бизлерге материаллық сыйлық алып келетуғындай ҳақ нийетли мийнет етиўге қəлеў береди (Сул. 10:4-қа қараң). Дуўа етиў бизлерге жалқаў ҳəм мийнеткештиң арасында теңликти табыўға жəрдем береди ҳəм зыян келтириўден сақлайды (Мт 16:26-қа қараң). Мухаддес Китапта «жумысшы өз мийнет ҳақысына ылайықлы» (Тим. 1-х. 5:18) деп айтылған. Буннан сениң өз мийнетиңе сыйлықланыўға ылайықлы екениң келип шығады. Айырым ўақытлары сый мийнетиңниң өзи болып табылады. Мысалы, сен үй жумысын алып барғаның ушын, бийпул түски аўқатларды таратқаның ушын ямаса балаға батинкиге жип байлаўды үйреткениң ушын ақша алмайсаң. Бирақ не болса да сениң мийнетиңниң баҳасыз сыйы оның нəтийжелерин көриў мүмкиншилиги болып табылады. «Әдил адамның мийнетлери — өмирге…» (Сул. 10:16).
Егер сенде жақсы төленетуғын жумыс болса, ендиги жағында да мийнетиң сондай сақый сыйланыўы ҳаққында əлбетте дуўа ет. Өзиниң жумысшыларының мийнетине жақсы төлеў мүмкиншилигине ийе болыўы ушын өзиңе жумыс бериўшиниң ҳəм оның жумысының жарылқаныўы ушын дуўа ет. Дуўа еткениңде өзиңниң карьера бойынша текшеде көтерилиўиң ушын, бирақ тек Қудайдың еркине сай болыўы ушын сора. «Қудайым, мен ўазыйпамда көтерилиўди ҳəм сəйкес ис ҳақымның көтерилиўин қатты қəлеймен. Егер, əлбетте, буған Сениң еркиң болса ғана, усындай болсын», — деп айт. Егер сен усылай дуўа етип ҳəм усының менен жумысыңды Қудайға арнасаң, Ол оны жарылқайды.
Сениң материаллық жағдайың қандай — жақсы ямаса онша емес болмасын, сени мийнетиң Қудай ушын, адамлар ушын, сен ушын əҳмийетли. Сен бул дуўаға қарсы болмаўың керек. Мийнетиңди Қудайға арна ҳəм оны жарылқаўын сора.
Саған «барлық мийнетте пайда бар» болғаны ушын миннетдарман (Сул. 14:23). Мийнетиме бəрҳа ылайықлы төлеўин сорайман. Мен Сениң молшылығыңның булағынан сақый сыйды сорайман. Мен кимниң қарамағында ислеп атырған болсам, сол адамларды жарылқа. Мениң менен олардың қатнасы олар ушын жарылқаў болсын, ал мен олардың садық жəрдемшиси болайын. Сениң сүйиспеншилигиң ҳəм тынышлығың мен арқалы ағып ҳəм Сениң ийгилигиң ҳаққында гүўалық ететуғындай етип исле. Сениң Патшалығыңның атының алғысланыўы ушын кəсиплеслеримниң жүреклерине түртки болмаўыма бер.
Қудайым, маған берген талантларың ушын Саған миннетдарман. Егер мен өзимниң маманлығымды көтериўим керек болса, онда жумысымды сапалы ислей алыўым ушын маған бунда жəрдем бер. Мийнетимниң жемислери басқалар ушын жағымлы болыўы ушын тəжирийбелик дəрежемди көтериўиме жəрдем бер. Билетуғынларымды қолланыўға мүмкиншилик бер ҳəм кириўим керек болмаған жерге кирмеўим ушын жолымды жап. Маған усы сораўда даналық бер ҳəм мени басқар.
Қудайым, мен өзимниң мийнетимди Саған арнайман, себеби Сен ҳəммесин ылайықлы түрде Сен орналастыра алатуғыныңды билемен (Сул. 16:3-қа қараң). Кəсибиме сүйиспеншилик бер ҳəм өзиме унайтуғын жумысты жақсы ислеўиме жəрдем бер. Сениң сөзиңе тийкарланып мен жумыс орнымда бəрҳа жигерли ҳəм ықласлы болыўды, ҳеш ўақытта «талпыныста ҳəлсиремеўди» ҳəм Саған мийнетим менен хызмет етиўди қəлеймен (Рим 12:11-қа қараң). Мийнетим басқа адамлардың көз алдында қоллаў табатуғындай ҳəм көпшилик ушын жарылқаў болатуғындай етип исле. Мениң мийнетим бəрҳа Сени алғысласын.
«Жаратқан Ийеден қорқып, Оның жолында жүретуғынлар бахытлы, Сен өз мийнетиңниң жемисин жейсең, Бахыт ҳəм жақсылыққа ийе боларсаң».
«Ийемиздиң жарылқаўы бийлик алып келеди, Ол байлыққа ғам-тəшиўишти қоспайды».
«Қудай Ийемиздиң жарылқаўы үстимизде болсын, Қол мийнетимизди босқа шығарма, Аўа қол мийнетимизди босқа шығарма».
«Өзиниң жумысына устаны көрдиң бе? Ол əпиўайы адамларға емес, патшаға хызмет етеди».
«Ҳəр бир инсан жеп ҳəм ишсе ҳəм өзиниң барлық ислеринен рəҳəт көрсе, бул — Қудайдың сыйыдур».
ОН ЕКИНШИ БАП
Әкем өмириниң көп бөлегинде фермер болды. Ол егиўди ҳəм бай зүрəəт жыйнаўды билетуғын еди. Өмиримниң сол дəўиринде баслы үйренгеним — бул палыз ҳəм мийўелерди жетилистириў. Ол ўақытта бизлерде бел ҳəм кетпеннен басқа ҳеш қандай арнаўлы қурал болмады. Бизлерде өсимликлерди суўғарыўдың автоматластарылған усылы ҳаққында айтпағанда, үйде ҳəтте водопроводта жоқ еди. Бизлер жер асты суўлары жоқарыға шығып ҳəм жерде қазылған кишкене салмалардан қарықларға еки тəреплеме суў барыўын күтетуғын едик. Усылай етип, нəлшелердиң тамырлары суўғарылатуғын еди, ал нəлшелердиң өзлери болса суў менен жуўылып кетпейтуғын еди.
Туқымларды егип ҳəм суўғарғаннан кейин бизлер нəлшелерге еркин өсиўге мүмкиншилик бериў ушын жерди төгинлеп ҳəм жумсартатуғын едик. Бизлер өсимликлеримизди буршақ, даўыл ҳəм музлаўдан қорғайтуғын едик. Бизлер жемислер пақалдан, ал пақаллар тамырынан үзилмеўин гүзететуғын едик. Жетерли ықлас ҳəм тырысқанлымыздан бизлер əкемиз бəрҳа мақтанатуғындай жақсы зүрəəт алатуғын едик.
Буны бизлер түсинемиз бе ямаса жоқ па, бирақ ҳəр биримиз өмиримизде ҳəр күни бир нəрсени егемиз ҳəм өтмиште еккенимизди аламыз. Бизлердиң ҳəзирги өмиримиздиң сапасы, бизлердиң жақын өтмиште нени егип ҳəм алғанымыздан белгиленеди. Егиннен кейинги көп жыл даўамында я жақсы, я жаман жемисти алыўды даўам етемиз. Соның ушын сапалы туқымларды егиў ҳəм ҳəзирдиң өзинде оларға қараўды баслаў сондай 18 мийнетли.
Ийса, Мен — Жүзим ағашыман, сизлер — шақаларысызлар. Ким Менде болып, Мен онда болсам, ол көп жемис береди, — деп айтты (Юх 15:5-қа қараң). «Болып» сөзи «қалыў, бəрҳа болыў» дегенди аңлатады. Басқа сөз бенен, егер бизлер бəрҳа Онда болсақ, ал Ол бəрҳа бизлерде болса, онда бизлер Оның Руўхының жемислерин бере баслаймыз (Гал. 5:22–23-қа қараң). Бизлер буған мүтəжбиз.
Бизлер қасында жасап ҳəм бəрҳа қатнаста болатуғын адамға уқсаймыз деп айтылады. Егер өмирмизди Ийсаға берсек, онда Оның образына өзгеремиз. Егер бизлер Оның менен бирлессек, онда Оның Руўхының жемисин бериўди баслаймыз.
Бай зүрəəт өсириўдиң дурыс тоғыз усылы
1. Сүйиспеншилик тухымын егиў. Қудайдан жаныңа оның барлығының пүткил толықлығын сезе алыўың ушын Өзиниң сүйиспеншилигин сондай күшли егиўин сора. Қудайдан Оның сүйиспеншилиги сен арқалы басқаларға төгилиўин де сора. Ийса: «Мен Әкемниң буйрықларын орынлап, Оның сүйиспеншилигине садық болғанымдай, сизлер де егер Мениң буйрықларымды орынласаңлар, Мениң сүйиспеншилигиме садық боласызлар» (Юх 15:10), — деп айтты. Қудайдан Оның сүйиспеншилиги жаныңда хош ийисли болыўын ҳеш ўақытта тоқтатпаўы ушын, соншелли Өзине бойсыныўшы болыўды үйретиўин сора.
2. Қуўаныш туқымын егиў. Қудайдан болған қуўаныш сениң өмириңдеги жағдайға ҳеш қандай қатнасы жоқ. Сен өзиңде пайда болатуғын аўыр ҳəм аўырыўлы машқалаларға қарамастан қуўанышты бастан өткере аласаң, себеби қуўаныш Қудай менен қатнастан туўылады. Қуўаныш өзин Қудайдан узақластыратуғынға ямаса Оның ўəделерине исенбейтуғынларға берилмейди. «Буларды сизлерге Мениң қуўанышым сизлерде болыўы ушын ҳəм қуўанышыңыз толы болыўы ушын айттым» (Юх 15:11). Егер Қудайдан болған қуўаныш өмириңде бар болса, онда сениң тəғдириңде Қудай қандай да уллы нəрсени ислейтуғынына сенде үмит бар. Қудайдан қуўаныш туқымлары жаныңда егилиўи ҳəм сен əтирапыңдағы адамларға усы қуўанышты бере алыўың ушын дуўа ет.
3. Тынышлық туқымын егиў. Өмириңдеги Қудайдың барлығы ҳəр қандай ақыл-ойдан зыят болған тынышлықты жаныңда жаратыўы ҳəм ҳеш нəрсеге қарамай, усы тынышлық жүрегиңде бийлик етиўи ушын дуўа ет. «Сонда ҳəр қандай ақыл-ойдан зыят болған Қудайдың тынышлығы Масих Ийса арқалы кеўиллериңизди ҳəм ой-пикирлериңизди қорғайды» (Флп. 4:7). Қудайдың тынышлығы бизлерде бир шəрт пенен болады: егер бизлерде Қудай менен беккем қатнас қурылған болса. Қудайдан Оны терең билиўиң ҳəм əтираптағы адамлар ушын тынышлықтың булағы болыўың ушын жəрдем сора.
4. Сабырлылық туқымын егиў. Қалай ойлайсаң, не ушын Қудай бизлердиң сабырлылық жемисин алып келиўимизди қəлейди? Қудайда ҳəмме нəрсеге ўақты болғаны себепли шығар. Ол бəрҳа бизлерге ашылғаннан да көбирегин ислейди, соның ушын бизлерде Ол ана яки мына истиң орынланыўы ушын белгиленген мүддетти белгилеген ўақыт муғдарын талап етеди. «Жəне де ериншек болмай, Қудай тəрепинен ўəде етилгенлерди исеним ҳəм сабырлылық пенен алғанлардан өрнек алыўыңызды қəлеймен» (Евр. 6:12). «Ҳеш бир кемшиликсиз, жетилискен ҳəм минсиз адамлар болыўыңыз ушын, толық сабырлық етиңлер» (Яқ 1:4). «Сабырлық пенен өз жаныңызды қутқарасызлар» (Лк 21:19). «Аўа, сен сабырлысаң. Мениң атым ушын қыйыншылықларға шыдам бердиң ҳəм шаршамадың» (Аян 2:3). Буның менен ҳəммеси айтылған. Барлық сабырлылықта беккемлениўиң ҳəм ҳеш қандай сынақлар усы сабырлықты сениң жаныңнан тамыры менен жула алмаўы ушын дуўа ет.
5. Жақсылық туқымын егиў. Өзиңниң бағыңда егиў ушын туқымның қандай сортын мақул көриўге сенде таңлаў бар. Сен керекли туқымларды таңлайсаң ҳəм оларды жерге таслайсаң, ал Қудай оларды өсиреди. Жақсылық туқымы — мине бул сениң биринши орында егиўиң кереги. Басқа сөз бенен айтқанда, сен кийим кийетуғының сыяқлы, оған кийиниў ушын жақсылықты таңлайсаң (Кол 3:12-қа қараң). Жақсылықтың жоқары көриниси, бизлер ушын Өзиниң жанын атанақ ағашта берген Ийсаның қурбанлығы болды. Оның жақсылығының туқымы жүрегиңде өсиўи ҳəм өзин қурбан етиў сыяқлы ҳақыйқаттан жақсы иске сени таярлаўы ушын дуўа ет.
6. Ийгилик туқымын егиў. Жаның Ийсаның ийгилигине мүтəж болған ўақытта, сенде жақсы ислерди ислеўди қəлеў пайда болады. «Жақсы адам кеўлиндеги жақсы ғəзийнесинен жақсылық шығарады, ал жаман адам кеўлиндеги жаман ғəзийнесинен жаманлық шығарады» (Мт 12:35). «Ҳəр бир жақсы терек жақсы мийўе береди, жаман терек жаман мийўе береди. Жақсы терек жаман мийўе, жаман терек жақсы мийўе бере алмайды» (Мт 7:17–18). Қудайдан Оның ийгилиги сенде өсиўи ушын өзиңниң Онда болыўыңа жəрдем бериўин сора. Ол сениң жүрегиңде тамыр жайыўы бойынша, сен əтираптағыларға жийи жақсылық ислейтуғын боласаң.
7. Садықлық туқымын егиў. Егер исенимде беккем ҳəм екиленбейтуғындай болсақ, егер өзлеримиздиң Оннан ғəрезли екенимизди түсинсек, егер бизлер исенимли, садық ҳəм исенимге ылайықлы болсақ, бизлер өзлеримиздиң Қудайға садықлығымызды көрсетемиз. «Кишкене исте исенимли болған адам үлкен исте де исенимли болады, ал кишкене исте садық болмаған адам үлкен исте де садық болмайды» (Лк 16:10). Бəрҳа Қудайға садық болыў ушын дуўа ет. Дуўа еткениңде Қудайға садықлылықты сақлап, қатнаста болатуғын адамларыңа жақсы үлги көрсетиўди билиўиңди сора.
8. Ҳақ нийетлиликтиң туқымын егиў. Егер бизлер өзлеримизди менмен ҳəм қопал тутсақ, онда бул адамларды қапа қылады ҳəм оларды бизлерден ийтереди. Ҳақ нийетли болыў — əтираптағылар менен өзиңди тыныш, жыллы жүзли ҳəм кишипейил тутып, қатнасықта жағымлы болыў. Мухаддес Китапта: «Ийемиздиң хызметшиси жəнжелпаз болмаўы керек. Керисинше, ол ҳəмме менен мүлəйим, тəлим бериўге қəбилетли ҳəм сабырлы болыўы тийис» (2 Тим 2:24), — деп айтылған. «Бирақ жоқарыдан түскен даналық бириншиден пəк, соңынан татыў, мүлəйим, бойсыныўшы, мийрим-шəпəəтке ҳəм жақсы жемислерге толы. Ол əдалатсыз ҳəм еки жүзли емес» (Яқ 2:17). Оларға деген ҳақ нийетли қатнаста көринетуғын, басқа адамлардың сезимлери ҳəм мүтəжликлерине итибар, сениң Қудайдың Руўхына бойсыныўшы екениң, ал Оның сенде еккен туқымы егинниң көгериўин бергени ҳаққында гүўалық етеди. Дуўа еткениңде минезиңде Ийсаның кишипейиллиги ҳəм ҳақ нийетлилиги көриниўи ҳаққында сора (2 Кор. 10:1-қа қараң).
9. Өзин тута билиў туқымын егиў. Өзин тута билиў қулпынайдың ҳəлсиз бир түбин емес, ал алмазарлықтың үлкен ҳəм беккем өресин еслетеди. Тек Қудай сениң жаныңда ылайықлы жемисти бере алатуғын усындай күшли өсимликти отырғыза алады. Өзин тутып билмейтуғын адам, қылмысының нəтийжесине қарамай, өзине унайтуғын нəрсени ислейди. Қудайдан өзиңе келетуғын азғырылыўға қарсы турыў ушын күш сора. «Сонлықтан сизлер бар күшиңизди сарп етип, исенимиңизге жақсылықты, жақсылыққа билимди, билимге нəпсини тыйыўды, нəпсини тыйыўға сабырлылықты, сабырлылыққа Қудайға бағышланыўды арттырыңлар…» (2 Пет. 1:5–6). Қудайдан жаныңа беккем терек өсиўи керек болған өзиңди тута билиўдиң туқымын егиўин сора. Оларды Өзиниң Руўхына бойсындырып, сениң сезим ҳəм эмоцияларыңды басқарыўын сора. Қудай сени тəртипке əлбетте үйретеди.
Егер сенде қəлеген Мухаддес Руўхтың жемислерин алып келиў ҳеш келиспесе, Қудайдан жаныңа жақсы туқымлар егиўин ҳəм онда өсетуғын барлық отақларды алып таслаўын сора. Жүрегиңниң жерин Қудайдың сөзиниң азығы менен төгинле ҳəм Мухаддес Руўхтан оны күнде Қудайдың суўы менен суўғарыўын сора. Егер сен Қудайға садық ҳəм ҳақыйқый Жүзим ағашында болсаң, сениң жаныңда Аспандағы Әке ыразы болатуғындай руўхый жемис əлбетте писеди.
Қудайым, Сен Өз сөзиңде: «Жүреклериңизде Масихтың тынышлығы ҳүкимдарлық етсин. Сизлер бир денениң мүшелери болып, усы тынышлыққа шақырылдыңыз. Жəне де, шүкирлик билдириңлер» (Кол 3:15), — деп айттың. Қудайым, мен Сеннен өтинемен, мен əтирапымдағы адамлар оны сезе алыўы ушын Сениң тынышлығың мениң жүрегимди ҳəм ойымды сақласын. Маған «тынышлық алып келетуғын ҳəм өз ара руўхый күш беретуғынды» (Рим. 14:19) излеўге жəрдем бер.
Маған тек Сени билип сезиў мүмкин болған қуўанышты бер. Адамлар менен қатнаста сабырлы болыўға мени үйрет, себеби мен оларға Сениң минезиңди көрсетиўди қəлеймен. Түрли мүмкиншиликте жақсылық ислеўиме жəрдем бер ҳəм Сениң ийгилигиң мен арқалы төгилсин ҳəм бəрше ушын жақсылық болсын. Ҳəмме нəрседе исенимге ылайықлы болыўым ушын мени садықлыққа үйрет. Менде Сениң мүләйимлилик руўхың пайда болыўы ушын маған «Масихтың мүлəйимлилиги ҳəм сабырлығына» ийе болыўыма жəрдем бер (2 Кор. 10:1-қа қараң). Өзимниң ойларымды ҳəм сөзлеримди қадағалаўды маған үйрет.
Егер жақсы жемис алып келиў ушын шақаларымды кесиўге мүтəж болсам, онда мен Сеннен буны ислеўди сорайман. Сенсиз ҳеш нəрсе ислей алмайтуғынымды билемен. Сен Жүзим ағашысаң, ал мен шақасыман ҳəм мен жақсы жемис алып келиў ушын Сенде болыўым керек. Бунда маған жəрдем бер. Егер мен Сенде болып ҳəм Сениң сөзиң менде болса, онда Сеннен қəлеген нəрсемди сорай алатуғыныма ҳəм бул маған берилетуғыны ҳаққында ўəдең ушын Саған миннетдарман (Юх 15:7-қа қараң). Егер мен бир нəрсе сорасам, онда əлбетте оны алатуғыным ҳаққында ўəдең ушын Саған миннетдарман (Юх 16:24-қа қараң). Ўақтында жемис келтириўим ҳəм жапырағым солымаўы ушын мен Сениң тири суўыңның ағысында отырғызылған терекке уқсас болайын (Заб 1:3-қа қараң). Ийса Масихтың атынан мен Сеннен өтинемен: əтираптағылардың ҳəммесине көриниўи ҳəм Сени алғыслаўы ушын менде Мухаддес Руўхтың жемисин өсир.
«Бирақ, адам өмиринде жетистиретуғын Мухаддес руўхтың жемиси — сүйиспеншилик, қуўаныш, тынышлық, сабырлылық, мийримлилик, қайырхомлық, садықлық, мүлəйимлилик ҳəм өзин тутып билиў. Бундай ислерге қарсы ҳеш қандай нызам жоқ»
«Мен — ҳақыйқый жүзим ағашыман, ал Әкем бағман. Мендеги жемис бермейтуғын ҳəр бир шақаны Ол кесип таслайды. Жемис беретуғын ҳəр бир шақаны жəне де көбирек жемис берсин деп, путап тазалайды. Мениң сизлерге айтқан сөзлерим арқалы сизлер əлле қашан тазасызлар. Менде болыңлар, Мен де сизлерде боламан. Ағашла болмаған шақа өз-өзинен жемис бере алмағаны сыяқлы, сизлер де Менде болмасаңлар, жемис бере алмайсызлар. Мен — жүзим ағашыман, сизлер — шақаларысыз. Ким Менде болып, Мен онда болсам, ол көп жемис береди. Себеби Менсиз ҳеш нəрсе ислей алмайсызлар. Ким де ким Менде болмаса, шақа сыяқлы сыртқа тасланып, қуўрап қалады. Бундай шақалар жыйналып, отқа тасланып жандырылады. Егер сизлер Менде болып, Мениң сөзлерим сизлерде болса, қəлегениңизди сораңлар, сизлерге бериледи. Сизлер көп жемис берсеңлер, Әкем уллыланады. Сонда, Мениң шəкиртлерим боласызлар»
ОН ҮШИНШИ БАП
Усы баптың басламасы сени уялдырмасын: гүнасыз болыў минсиз болыў дегенди билдирмейди, бул мухаддес болғанға өзиңде болыўына жол бериў дегенди билдиреди. Бизлер гүнасыз жасаўға өзлеримиз үйрене алмаймыз, бирақ бизлер таңлаў ислей аламыз ҳəм Қудайдың мухаддеслиги бизлерде көринеди. Бизлер өзлеримиздиң жақсылығымызды бос қылатуғын ҳəмме нəрседен узақласыўға ҳəм өзлеримиздиң қəлеўлеримиз ушын өлиўге шешим қабыл етиўимиз керек. Бул ҳақыйқаттан бизлердиң күшимизде, себеби «Ийса Масихқа тийисли болғанлар өз тəбиятын қəлеўлери ҳəм нəпсилери менен бирликте атанақ ағашқа шегелеп қойған» (Галат. 5:24), — деп айтылған. Бизлер енди денемиздиң қулы емеспиз — бизлер Қудайға арналған таза өмирде жасай аламыз.
Айырым ўақытлары адамлардан: «Мен порнографияға анық түсиник бере алмайман, бирақ мен егер оны көрсем айыра аламан», — деген сөзлерди еситиўимиз мүмкин. Мине сондай минсизлик ҳəм тазалық пенен гəп усылай керисинше болады: сен мухаддесликке бир мəнисли түсиник бериўге қыйналыўың мүмкин, бирақ сен, егер өмирде мухаддесликтиң белгилери бар қандай да бир адамды көрмесең, əдил болыўдың нени аңлататуғынын əлбетте түсинесең. Төменде минсизликте жүриўге тəн болған жети белги санап өтилген. Дизимди оқып, сен олардың қайсылары өмириңде жоқ екенин түсинесең.
Минсизликте жүриўге тəн болған жети белги
1. Минсизликте жүриў өзиңди дүньядан узақластырыўды нәзерде тутады. Бул мысалы барлық исенбеўшилерден жасырыныў ушын таўларға кетиў керек дегенди билдирмейди. Бул сениң усы дүньяның баҳалық системесынан бас тартатуғыныңды ҳəм буның орнына ҳəммесинен жоқары Қудайдың баҳалылығын қабыл етиўди билдиреди. Кери жағдайда ақыбетлери қорқынышлы болыўы мүмкин: «Ҳəй, опасызлар! Дүнья менен дос болыўдың Қудайға душпанлық екенин билмейсизлер ме? Дүньяның досты болыўды қəлеген адам өзин Қудайға душпан қылады» (Яқ 4:4). Ал ким Қудайдың душпаны болыўды қəлейди?
Мен жасап атырған дүньяңнан узақласыўдың қандай қыйын болатуғынын билемен. Бирақ, егер сенде қəлеў болса, онда Қудайдан өзиңе жəрдем бериўин сора. Әлбетте, сенде таңлаў бар: айырым көк экран бағдарламаларын көриў ямаса көрмеў, белгиленген фильмлер ушын киноға барыў ямаса бармаў, айырым журналларды оқыў ямаса оқымаў, айырым орынларға барыў ямаса бармаў. «Дүньяны ҳəм дүньядағы нəрселерди сүймеңлер. Ким де ким дүньяны сүйсе, онда Әкеге деген сүйиспеншилик жоқ. Себеби дүньяда болған ҳəр бир нəрсе: денениң қəлеўлери, көздиң қəлеўлери ҳəм өмирдеги менменлик Әкеден емес, дүньядан» (1 Юх. 2:15–16). Қудайдан дүньяның ислеринен узақласыўыңа жəрдем бериўин сора ҳəм Оны дүньядан көбирек сүйиўге үйретиўин өтиниш ет.
2. Минсизликте жүриў жүрегиңди тазалаўды нәзерде тутады. Жүректи тазалаў — бул барлық қəтелерди жасыратуғын ақ кийимге кийиниўди билдирмейди. Ҳақыйқатында бул минсиз болған Қудайдан жүрегиңди тазалаўын сораўды билдиреди. Бастан-ақ жүректе гүна жасайды. Тазаланыўдың мəниси болса өмириңди, ойларыңды, ислериңди, ис байланысларын анализлеўден ҳəм өзиңди түрли гүнадан тазалаўға кирисиўден ибарат. Бизлер əдеп-икрамлылық ҳəм этикалық қатнаста таза болыўды ҳəм белсенди ҳəрекет ете баслаўды шешиўимиз керек. «Масихтан усылай үмит еткен ҳəр бир адам Ол пəк болғаны сыяқлы, өзин пəклейди» (1 Юх. 3:3)
«Минсиз болыў» (Лев 19:2), — деп айтып, Қудай бизлерге ўəсиятларды берди: урлама, өтирик сөйлеме, жалатайлық етпе, жала жаўма, өш алма, өзиңе бут жаратпа. Бул жерден келип шығып, бизлер əдеп-икрамсызлықтан тазаланыўымызды дəлиллейтуғын анық ислерди ислеўимиз керек. Бизлер гүналы ҳəм ылайықсыз өмир салтын көрсететуғын ҳəмме нəрседен биле тура бас тартыўға миннетлимиз. «Керисинше, сизлерди шақырған Қудай мухаддес болғаны сыяқлы, сизлер де ҳəр бир ис-ҳəрекетиңизде мухаддес болыңлар. Өйткени былай деп жазылған: „Мухаддес болыңлар, себеби Мен мухаддеспен“» (1 Петр. 1:15–16). Өз жолларыңды дыққат пенен изертлеўди ҳəм Қудайға мүрəжат етиўди үйрениўиң ушын дуўа ет (Ере 3:40-қа қараң).
3. Минсизликте жүриў дене бойынша емес, ал руўх бойынша жасаўды нәзерде тутады. Бизлердиң денелик ойларымыз ҳақыйқый барлығымызды ислеримизден жаман көрсетпейди. Бизлер кимди болса да қызғанамыз ба? Ким менен болса да урысып атырмыз ба? Гүнаны өмиримизге биле тура киргиземиз бе? Егер усылай болса, онда бизлер дене бойынша жасап атырмыз. Бул бизлерди өлтиреди. «Өйткени гүнакар тəбиятының жетелеўи менен жүретуғынлар өз гүнакар тəбиятының қəлейтуғын нəрселерин ойлайды, ал Мухаддес Руўхтың жетелеўи менен жүретуғынлар Мухаддес Руўхтың қəлейтуғын нəрселерин ойлайды. Гүнакар тəбият басқаратуғын ой-пикирлер өлимге, ал Мухаддес Руўх басқаратуғын ой-пикирлер өмирге ҳəм тынышлыққа еристиреди. Себеби гүнакар тəбият басқаратуғын ой-пикирге ийе адам — Қудайға душпан. Ол Қудайдың Нызамына бойсынбайды ҳəм бойсына алмайды да. Ким де ким гүнакар тəбиятының жетелеўи менен жүрсе, ол Қудайға унай алмайды» (Рим. 8:5–8).
Егер сен өмириңди дурыс баҳалаўды билсең, онда алатуғын жемислериңнен егин қандай болғанын, қай жерге еккениңди — денеге ямаса руўхқа ма көресең. «Өз-өзиңизди алдамаңлар, Қудайды алдаў мүмкин емес. Адам не ексе, соны орады. Өзиниң гүнакар тəбиятына бойсыныўшы сол тəбиятқа тəн өлим алады. Мухаддес Руўхқа бойсыныўшы Мухаддес Руўхқа тəн мəңгилик өмирди алады» (Гал. 6:7–8).
4. Минсизликте жүриў жынысый қатнас гүнасынан тазаланыўды нәзерде тутады. Бизлердиң жəмийетимиздиң үлкен қəтеси жынысый қатнас гүнасына жеңил қатнаста болыўы болып табылады. Шайтанның өтиригине исенип, өзин Қудайдың жарылқаўынан айырып, өзиниң денесин сатып атырған ҳаялларды көргенде Мухаддес Руўхтың қандай қапа болатуғынын көз алдыңа келтириўге болады. Жəне бир мысал: өзи ушын өзин алдаўды таңлаған заманагөй əўлад, өмирлик жолдасы болмаған адам менен ораль жынысый қатнасты улыўма жынысый қатнас деп есаплаўға болмайды деп исенеди. Сонлықтан, усылай етип қандай да ақыбетлерден қорықпай, денеңди алжастырыўға болады. «Сондай əўлад бар, өзиниң нəзеринде пəк, бирақ жаманлығынан тазаланбаған» (Сул. 30:12). Өзин қəлемеген жүклиликтен қəўипсизлендирип, адамлар өз жанларын набыт етеди, ал кейин неке қурып, өмирлик жолдасы менен жынысый қатнастың қуўанышы қай жерге кеткенине таң қалады. Минсизликте жүриў — бул қандай да таза модалы теорияға ҳəм көзқарасқа ериў емес (1 Сал. 4:3–5-қа қараң). Қудайдан ақылыңды, жаныңды ҳəм денеңди тазалықта сақлаўын сора.
5. Минсизликте жүриў Ийсаның аты менен тазаланыўды нәзерде тутады. Ийсаны өмиримизге мирəт етип, бизлер енди алдыңғы гүналы өмиримиз бенен жасай алмаймыз. Енди Ол бизлерде жасап ҳəм Мухаддес Руўх бизлерди толтырып ҳəм өзгертип атырған ўақытта, өзлеримиздиң ылайықлы ислеримизди ақлай алмаймыз. «Қудайдың усы қəлеўи бойынша Ийса Масих Өз денесин биринши ҳəм соңғы мəртебе қурбан етиўи арқалы бизлер мухаддес қылындық» (Евр. 10:10). «Өйткени Ол мухаддес қылынғанларды тек бир қурбанлық пенен мəңгиликке минсиз қылды» (Евр. 10:14). Бул бизлердиң гүна ислеўден қорғалғанымызды ҳəм Масих ҳəммеси ҳаққында тəшиўишленетуғыны себепли ҳəмме нəрсени ислеўге еркли екенимизди билдирмейди. Бул ондай емес. Бул тек бизлердиң Ийсада болыўды даўам етиўимиз ҳəм Қудайдан минсизликте жүриўге жəрдем бериўин сораўымыз кереклигин билдиреди.
6. Минсизликте жүриў Қудайға жақынлаўды нәзерде тутады. Егер бизлер Қудайдың жолларында жүриў туўралы, тазалық ҳəм тынышлықта жасап, Қудайға жақынласыў ҳаққында ғам шекпесек, бизлер Қудайды ҳеш ўақытта көрмеймиз. «Ҳəмме менен татыў болып жасаўға ҳəм мухаддес болыўға тырысыңлар. Мухаддесликке ийе болмай турып, ҳеш ким де Ийемизди көрмейди» (Евр. 12:14). Қудайдың мухаддеслигин ҳəм тазалықтағы өмирди түсиниў — мине Оған жақын болыўдың жалғыз усылы (Заб 23:3–4-қа қараң). «…Өзиме жақынлап атырғанлардан ҳүрметленемен ҳəм барлық халықтың алдында уллыланаман» (Лев. 10:3). Қудайға жақынлаўдан басқа əҳмийетлирек нəрсе жоқ.
Ҳəр биримиздиң өмиримизде Қудайдың қасымызда екенин ҳəм дуўаларымызды еситип атырғанын түсиниўди баслаған ўақтымыз келеди. Бизлерде Қудай менен келисиўге ўақыт болмайды, бирақ Оның алдында жуўап бериўимизге туўра келеди. «Билиңлер: Қудай əдилди таңлады, жалбарынсам Ийем қулақ асады» (Заб 4:4). Ҳəзир əдил жасаўды, өмиримизди тазалап ҳəм ҳүрмет етиўди баслаў ўақты, себеби бизлер келешекте дуўаларымызға жуўапларды алыўды қəлеймиз.
7. Минсизликте жүриў Қудайға толық исенимди нәзерде тутады. Мухаддеслик — үстиңе илдиретуғын ямаса шешиўге болатуғын кийим емес. Бизлер мухаддесликте жасаўымыз керек – заманның басынан баслап Қудайдың ерки усындай. «Қудай Өзиниң алдында мухаддес ҳəм минсиз болыўымыз ушын, Масих пенен қатнаста болған бизлерди дүнья жаратылмастан бурын таңлап алды. Қудай бизлерди сүйип, Ийса Масих арқалы Өзиниң балалары қылып асырап алыў ушын, алдын ала белгиледи. Бул Оның əжайып қəлеўи бойынша болды» (Еф. 1:4–5). Қудай бизлерге мухаддес өмирге жол көрсетти ҳəм Ол бизлерди тазалықта сақлайды. Егер жүреклеримиз əдил өмирди қəлесе, Қудай бизлерди гүна ислеўден қорғайды.
Ибрайым патша Абумалекке Сараның өзине ҳаялы емес, ал қарындасы екенин айтқан ўақытта, ол оны өзиниң үйине алды. Бирақ Қудай Абумаликке түсинде басқаның ҳаялын алғаны себепли тез арада өлетуғынын айтты. Абималек: «Бул исте мениң ҳүжданым таза қоллырымда» (Жар. 20:5), — деп айтты.
Қудай Абумаликке: «…Аўа сениң ҳүжданыңның таза екенин билемен. Сонлықтан сени Маған қарсы гүна ислеўден сақлап, саған ҳаялға қол тийгизиўге жол қоймадым…» (Жар. 20:6).
Егер бизлер əдил жасасақ, Қудай бизлерди гүнадан сақлайды.
Егер бизлер минсизликте жүриўди өмиримиздиң салты деп таңласақ, онда оны Қудайдың жəрдемисиз алып бара алмаймыз. Буның себеби, бизлерди Өзи неге шақырса тек Қудайдың Өзи бизлерге күш беретуғынында жасырынған. Бирақ бизлер бул ҳаққында бəрҳа Қудайдан сораўымыз керек, өйткени Ол бизлердиң Оның мухаддеслигин баҳалап ҳəм оны излеўимизди билиўди қəлейди. Олардың усы өмир салтынан жийи бас тартатуғынына қарамастан, минсизликте жүриў адамлар ушын жағымлы. Қудайдан сени Өзиниң минсизлигиниң сулыўлығына тартып, өмириңди тазалаўын сора.
Қудайым, барлық патаслықтан узақласыўыма жəрдем бер; мен өмиримди мəниссиз ислерге сарплаўды қəлемеймен. Барлық бос ҳəм бийкар нəрсени айырыўды маған үйрет ҳəм буның ҳəммесин меннен алып тасла. Өзимнен барлық гүналы нəрселерди алып таслаўыма жəрдем бер ҳəм Сениң нийетиңниң əмелге асыўына жəрдем беретуғынды излеўге жəрдем бер. Сениң еркиң бойынша жасаўым ушын өмиримдеги Сениң жақсы нийетиңе қарсы болатуғын ҳəмме нəрсени жоқ қылыў ушын қолымнан келген ҳəмме нəрсени ислеўиме жəрдем бер. Барлық бутларды қулатыўға ҳəм ҳеш қандай патас ойлар қоршап ала алмаўы ушын өзимди Сени алғысламайтуғын теле дəстүрлерди, кинофильмлерди ҳəм видеофильмлерди көриўден, китап ҳəм журналларды оқыўдан сақлаўыма жəрдем бер. Егер мен дурыс бағыттан шетлеген жағдайымда, бəрҳа артқа қайта алыўым ушын маған жолларымды изертлеўди үйрет. Сениң алдыңда тазаланыўым ушын барлық керек нəрселерди ислеўиме жəрдем бер.
Қудайым, мен мухаддесликте жасаўды қəлеймен, себеби Сен мухаддессең. «[Маған] [Сениң] мухаддеслигиңе шерик болыўға» жол бер (Евр. 12:10-қа қараң) ҳəм руўхым, жаным ҳəм денем кемшиликсиз сақлансын (1 Сал. 5:23-қа қараң). Мен Сениң мени мухаддесликке шақырғаныңды ҳəм: «Сизлерди шақырған Қудай садық, Ол усыны əмелге асырады» (1 Сал. 5:24), — деп айтқаныңды билемен. Сениң мийрасыңды пүткил толықлығында алыўым ушын мени тазалықта ҳəм минсизликте сақлаўға берген ўəдең ушын Саған миннетдарман.
«Қудай Өзиниң алдында мухаддес ҳəм минсиз болыўымыз ушын, Масих пенен қатнаста болған бизлерди дүнья жаратылмастан бурын таңлап алды. Қудай бизлерди сүйип…»
«Пəк кеўиллилер бахытлы. Олар Қудайды көреди»
«Үлкен бир үйде тек алтын ҳəм гүмис ыдыслар емес, ал ағаш ҳəм ылай ыдыслар да бар. Олардың биреўлери сыйлы, ал биреўлери сыйсыз ис ушын қолланылады. Солай етип, егер ким де ким өзин жаманлықлардан тазаласа, онда ол сыйлы, мухаддес қылынған, хожайынына пайдалы ҳəм ҳəр бир жақсы иске тайын ыдыс болады»
«Солай етип, сүйикли туўысқанларым, усындай ўəделерге ийе болғанымыз себепли, денемизди ҳəм руўхымызды ипласлайтуғын ҳəр бир нəрседен өзлеримизди тазалайық. Қудайдан қорқып жасап, минсиз мухаддесликке жетилисип барайық»
«Ол жерде бир үлкен жол болажақ, Сол жол «Мухаддес» деп аталажақ, Оннан напəк адамлар жүрмейтуғын болар. Бул жол қутқарылатуғынлардың жолыдур. Усы жолдан жүриўшилер, тəжирийбесиз болса да, адаспайды».
ОН ТӨРТИНШИ БАП
Балаларым өскен ўақытта, мен Қудайдан оларға өмириниң мақсетин ҳəм Қудайдың жаратылысы сыпатында арналыўларын ашыўын сорап жийи олар ушын дуўа ететуғын едим. Мен өзлериниң өмирин өзлери ушын Қудайдың белгилеген уллы мақсети ҳаққында ҳеш қандай түсиникке ийе болмағаны себепли босқа сарплайтуғын көплеген жас адамларды билемен. Жаслығымда мен де өзимниң арналыўым ҳаққында ҳеш нəрсе билмейтуғын едим ҳəм соның ушын мениң өмирим жүдə əўметсиз болды. Әлбетте, мен балаларым ушын жақсы тəғдирди қəлеймен. Мениң олар ушын дуўаларым жуўапсыз қалмады, өйткени балаларым өмириниң мақсетин көреди. Бүгин, олар əлле қашан жигирма жастан өткен болсада, олар өзлериниң қəбилетлерин раўажландырыўды даўам етип атыр ҳəм олардың өмирлик жолы көбирек анық болып атыр. Олар өз келешегин майда-шүйдесине шекем билмесе де, ол өзлеринде бар ҳəм əжайып екенине исенеди.
Мен Ата-ананың дуўасының күши атлы китабым үстинде ислеп атырған ҳəм жүдə көп ўақтымды балаларым ушын дуўа етиўге арнаған ўақтымда, маған адамлар өзлериниң басынан кеширгенлери менен бөлискен көплеген хатлар келетуғын еди. Көпшилиги өзлери ушын балалықта ҳеш ким дуўа етпегенине өкинетуғын болып шықты. Олар өмирдиң мəнисин излеўге неше жылларды босқа жибергенинен ҳəм баслысын — өзлери ушын Қудайдың белгилеген мақсетин өткерип жибериўине қорқатуғын еди. Мен бул адамларды: «Алдыңызда Қудайдың қойған мақсетине алып баратуғын жолдан қандай күшли шетлесеңиз де, Ол сизлердиң ҳəзирги турған жериңизден болыўыңыз керек болған жерге жол салыўды баслайды ҳəм егер өмиримизди Оның қолына тапсырып ҳəм Оннан ғəрезли екенимизди мойынласақ, бизлерди оған алып шығады. Әлбетте, бундай жағдайда мақсетиңе жетиў ушын, сизиң бастан-ақ туўры жолда болғаныңызға қарағанда, көп ўақыт талап етиледи. Бирақ, егер Қудайдың изинен қайтпай ерсеңиз, Ол сизлерди керекли орынға алып баратуғынын есте тутың», — деп айтып жигерлендириўге ҳəрекет еттим.
Ҳеш ўақытта «мен кешиктим» деп ойлама. Мухаддес Китапта «Қудай Өзиниң сыйларын қайтарып алып, шақырығын бийкарламайды» деп айтылған (Рим. 11:29). Бул Қудайдың саған берген сый ҳəм талантларын қайтарып алмайтуғынын аңлатады. Олар бийкар қылынбайды. Оның сыйлары бəрҳа сениң менен бирге. Бирақ бул Қу-дай саған қолын тийгизип ҳəм саған қараңғылықты жоқ қылыў, нур ҳəм өмирди алып келетуғын тəбияттан тыс күшти берген ўақыттағы майлаў сыяқлы көриниске қатнаслы емес. Тəўбе етилмеген гүна арқалы Мухаддес Руўхтың тəсириинен айырылыўға болады. Бизлер адамлардың əдепсиз ислерди ислегенин көп көрдик, бирақ қəбилетлеримизди жөнсиз жумсаўды даўам еттик ҳəм усының менен оларды Мухаддес Руўх таслап кеткенин түсинбейтуғын едик. Гүна оларды соқыр қылады ҳəм олар жоғалтқанын түсинбейди.
Ҳəр бир адамда мақсет бар
Ҳəр бир ҳаялдың өзиниң арналыўы бар, бирақ ҳəммеси де буны түсине бермейди. Ал, егер бизлерде шақырығымыздың анық көриниси жоқ болса, бизлер я кимге болса да еликлеўди, я өмиримизди басқаша көрсетиўди баслаймыз. Бизлер өзлеримизди басқалар менен салыстырамыз ҳəм өзимизди əўметсиз деп есаплаймыз.
Егер бизлер өзимиз ҳаққында жеке көзқарасымызға сəйкес келмесек, онда өзимизге наразы болып, жалғыз ҳəм қорғансыз сезе баслаймыз. Бизлер өзлеримизди айыплаймыз, өзлеримизге бос болып көринетуғын өмирден кеўлимиз қалады, өзимизге бекинип алып, бəрҳа өзимизди шуқлап баслаймыз ҳəм қандай болыўымыз кереклиги ҳаққында ойлап баслаймыз. Буның ҳəммеси өзлеримиздиң көзқарасымызға сəйкес өмиримизди дүзетиўди баслаўға бизлерди оятады. Ақырғы жағдайда бизлер өз-өзимизди алдаўды баслаймыз ҳəм нəтийжеде өзимиз туўралы надурыс пикирди дүземиз. Өмириниң бағдарын ҳəм мақсетин жоғалтқан адамларды билиў аңсат, себеби олар өзлериниң əтирапында тəшиўишлениў, қанаатланбаўшылық ҳəм қəўетер атмосферасын жаратады.
Қудай сен ушын бундай тəғдирди қəлемейди. Ол сениң өмириңниң мақсетин анық түсиниўиңди қəлейди; Ол Өзи саған берген талантларын ашыўды ҳəм оларды Қудайдың даңқы ушын раўажландырыўды үйретиўди қəлейди.
Ким екениңди ҳəм қаяққабаратырғаныңды бил
«Алдын ала белгилеў» сөзи өзинде белгиленген мақсеттиң, белгиленген ўақыттың барын нəзерде тутады. Мухаддес Китап, бизлердиң ҳəр биримизде Қудайдың нийети ҳəм еркине сəйкес арналыў бар екенин айтады (Еф 1:11-қа қараң). Сонлықтан, Қудай сениң қай жерге барыўың кереклигин, керекли орынға сени қалай алып барыўды биледи. Бирақ өмириңниң мақсетин билип, сен, егер сени Жаратқан менен тығыз байланыста болмасаң, оған жете алмайсаң. Егер сен Қудай менен қатнаста болмасаң, онда бир күни ҳəлсизлик, айтайық, күшли сезим ямаса ғəзеп ўақтында сен өзиңди ҳəм өзиңниң сыйыңды қуры берип қоясаң. Ҳəр күни жаңалықлар дəстүринде бизлерге адамлардың өзлери — өзлерине қалай қыянет ететуғыны ҳаққында айтылады. Егер сен Қудай менен тығыз қатнаста болсаң, онда шақырылған исине ҳеш ўақытта менсинбей қарай алмайсаң. Өмириң душпанның олжасы болыўына ҳəм шешимди жеңил қабыл етиўиңниң нəтийжесинде бузылыўына жол қоймайсаң.
Бəлким, қорғансызлық ҳəм ҳəлсизлик сезимин гүна деп есаплаў онша əдил емес шығар. Бул жатырған адамды урыў менен барабар. Бирақ, гəп өзиңе керекли исенимниң жоқлығының нəтийжеси болып табылады, ал исенимсизлик гүна, өйткени ол Қудайға исенбеўшилик ҳаққында гүўалық етеди. Егер бизлер өзимизге ҳəм шақырылған исимизге исенимли болмасақ, демек, бизлер Қудайға өмиримизди исенбеймиз, бизлер туўралы Өзиниң сөзинде айтқанына исенбеймиз. Исенимсизлик бизлерди Онда ҳəм Оның қəлеўлерине жəмлениўдиң орнына, дыққатымызды өзимизге, өзимиздиң қəлеўлеримизге қаратыўға мəжбүр етеди. Ҳəр бир ҳаял өмиринде қандай да бир əжайып нəрсени ислеўди əрман етеди ҳəм ҳəр биринде усы уллы орынланыўлар ушын белгиленген жəрдем бар. Бул бизлердиң Қудайға тийисли екенимиз ҳəм Оның Руўхы бизлерде жасайтуғыны менен түсиндириледи. Оның күши бизлерде болғанлықтан, Ол бизлер арқалы уллы ислерди ислей алады. Бизлер тек бир нəрсе ҳаққында — Қудайдың сөзи алдындағы əўметти адамлардағы əўмет пенен шатастырмаў кереклиги ҳаққында есте тутыўымыз керек. Усы дүньяның адамлары өзлерин өз ислери менен уллылайды, ал Қудайдың балалары Қудайда уллыланады. «Қудай былай айтады: дана өзиниң даналығы менен, күшли өзиниң күши менен, бай байлығы менен мақтанбасын. Бирақ мақтанатуғын Мени түсинип ҳəм билетуғының менен мақтан» (Ере 9:23–24).
Сен Қудайға тийисли екениңди билгениңде ҳəм Оған өзиңди өмир бойынша алып жүриўине жол берсең, онда сен өзиңди толық қəўипсизликте сезесең.
Қудайға өзиңниң əрманларыңдаисенип тапсыр
Егер Оған барлық қəлеўлеримизди ҳəм əрманларымызда исенип тапсырмасақ өзлеримизге Қудайдың таярлаған мийрасын ҳеш ўақытта ала алмайтуғынымызды ҳəм Ол бизлерди ким етип жаратқан болса сондай болса алмайтуғынымызды түсиндим. Ийса: «Өйткени ким де ким өз жанын сақламақшы болса, оны жоғалтады. Ал ким де ким өз жанын Мен ушын жоғалтса, оны таўып алады» (Мт 16:25), — деп айтты. Сонлықтан, Қудайда пана табыўымыз ушын бизлерге өзлеримиздиң жобаларымыздан бас тартыўымызға ҳəм: «Мениң ерким емес, ал Қудайым, Сениң еркиң орынлансын», — деп айтыўымызға туўра келеди. Бул аңсат емес, себеби жобаларымыздан бас тартыўды бизлер бəринен бетер аз қəлеймиз. Бирақ, Қудайдан Өзинен келмеген барлық əрманларды жүрегимизден алып таслаўын ҳəм Өзине унайтуғынын салыўын сораўымызға туўра келеди.
Егер сениң жобаларың Қудайдың нийети менен туўры келмесе, Ол сени оларды жүзеге асырыўды қəлеўден азат етеди ҳəм Өзиниң еркин саған ашады. Әлбетте, егер сен усы əрман менен узақ ўақыт жасаған ҳəм еле оған жабысыўды даўам етип атырған болсаң, өзиңниң əрманларыңнан бас тартыў қыйын ҳəм аўыр болыўы мүмкин. Бирақ өмириңди Қудай жарылқамаған мақсетке жетиўге сарплаў керек пе? Себеби бул жағдайда кеўил қалыў сени гүзетеди, ал сениң əрманың болса орынланбай қалады. Қудай Сениң жүрегиңе салатуғын əрман менен жасаўың керек.
Бирақ, егер сениң əрманларың Қудайдан болса да, сен бəри бир оларды Оған исенип тапсырыўың керек, себеби Қудай сениң жүрегиңниң өзиңниң əрманларыңа емес, ал Өзине байланыўын қəлейди. Олардың орынланыўы ушын талпынып, күштен кетиўиң Оған унамайды. Оған сениң исенимиң керек ҳəм сонда Оның Өзи əрманларыңды өмирде иске асырады.
Өз исиңди тап
Бизлердиң ҳəммемиз өзимиздиң жердеги жасап атырған мəнисин түсиниўимиз керек. Бизлердиң ҳəммемизге өзлеримиздиң белгиленген мақсет пенен жаратылғанымызды билиў əҳмийетли. Бизлер не зат ушын жаратылған болсақ, сол исимизди ислеўди басламаған ға шекем ҳақыйқый бахытты бастан кешире алмаймыз. Бирақ, егер бизлер Оған аз нəрседе өзимиздиң садықлығымызды дəлиллей алмасақ, Қудай бизлерден күтетуғын уллы нəрсени бизлерге ашпайды. Солай екен, егер ҳəзирги ўақытта саған əҳмийетсиз нəрсе менен шуғылланыўға туўра келсе, қуўан! Қудай сени алдыңда күтип турған үлкен ислерге таярлап атыр.
Егер Қудай сен ушын белгиленген Өзиниң нийетине сəйкес орынды қоймаған болса, қапа болма ҳəм енди кеш деп ҳеш ойлама. Егер Сен Қудайға исенсең, онда өзиңниң исиңди табыўға ҳеш ўақытта кеш емес. Мениң өмиримде ҳəммеси кеш болды: мен Қудайға 28 жасымда келдим, турмысқа кеш шықтым, балаларым да кеш туўылды, қырық жаста болған ўақтымда тəжирийбели жазыўшы болдым. Егер сен дем алыўды даўам етип атырған болсаң, маған исен: Қудайдың басқаларға қарағанда саған қатнаслы нийети бар; Онда ҳәзирдиң өзинде сен ушын жумыс бар.
Егер сен Қудайдың нийетинде өзиңе айрықша роль берилгенине исенимсиз болсаң, басқалар ушын өтиниўди басла. Себеби басқаларға дуўа етиў — бизлердиң уқыплылығымыз. Ибадатханаңа хызмет етиўди басла, себеби бизлердиң ҳəммемиз өзлеримизди Масихтың Денесиниң алдында бойсындырғанымыздай Ибадатхананың алдында да бойсыныўға ҳəм басқаларға жəрдем бериўге шақырылғанбыз. Егер бизлер буны ислеп атырған болсақ, Қудай бизлерди жаңа орынға алып шығады. «…бизлерди ислеген ислеримиз себепли емес, ал Өз мақсети ҳəм мийрими менен қутқарып, мухаддес болып жасаўға шақырды. Бул мийримди Ол бизлерге дүнья жаратылмастан бурын Масих Ийса арқалы берген…» (2 Тим. 1:9) Қудайға миннетдаршылық билдириўди умытпайық. «Қудайдың бизлерге берген мийрими бойынша, бизлер ҳəр түрли руўхый сыйларға ийемиз. Кимниң пайына пайғамбаршылық етиў сыйы тийсе, ол исенимине қарай пайғамбаршылық етсин» (Рим. 12:6). «Барлық адамлардың мен сыяқлы жалғыз жасаўын қəлеймен. Бирақ, ҳəр бир адамның Қудайдан алған сыйы бар: биреўлер хожалық болып некеде жасайды, екиншилер некесиз жалғыз жасайды» (1 Кор. 7:7). «Ҳəр бир адам Ийемиздиң ол ушын белгилеген жағдайына бойсынып, Қудай оны қандай жағдайда шақырған болса, сондай болып қалсын. Буны барлық исениўши жəмəəтлерге буйыраман» (1 Кор. 7:17).
Мен Қудай «…даңқ-салтанатқа ийе Әке Өзин билиўиңиз ушын, сизлерге даналық ҳəм аян бериўши Мухаддес Руўхын берсин деп…» ушын дуўа етемен (Еф. 1:17–18). Қудай «саған жүрегиңе қарап берсин ҳəм барлық нийетлериңди орынласын» (Заб 19:5).
Қымбатлы сиңлим, Қудай өмириңде əҳмийетли нəрсени ислеўди ҳəм бул саған жақсылыққа хызмет етиўин нийетлеп қойғаны туўралы бəрҳа есиңде тут.
Өмиримниң мақсетин түсиниўге ҳəм Сениң шақырығыңды еситиўге жəрдем бер. Мени менменлик, өзин ойлаўшылық ҳəм Сениң жарылқаўыңды алыўға кесент ететуғын ҳəмме нəрседен азат ет. Мен Сениң қойған мақсетиңниң қасынан шетлеп өтиўди қəлемеймен, мен өзим ушын Сен белгилеген жолдан жүриўди қəлеймен. Сен ушын жасамаған ҳəр бир күним ушын Сеннен кеширим сорайман. Ендигиден былай Сениң еркиң ҳəм нийетиңе сəйкес жасаўға жəрдем бер.
Қудайым, өзимниң уқыплылығыма ақлаўға жəрдем бер. Мениң өмиримнен түрли үмитсизлик ҳəм өмирден түңилиўшилик сезимин қуў ҳəм олардың орнына маған мен арқалы ҳəрекет етип баслаған ўақтыңда Сениң барлығыңды билиў қуўанышын бер. Мениң жолымда Өзиң қоятуғын дурыс өзгериўи ушын мени Өзиңниң қолыңда қурал сыпатында пайдалан. Сениң ўақытты таңлаўың минсиз екенине маған исеним бер. Егер Сен мени қандай да иске шақырсаң, оны ислеўге маған күш беретуғыныңды билемен.
Мен Сеннен өтинемен: Сениң еркиңди орынлаўдан мени ҳеш нəрсе алағада етпесин; өзиме Сениң нəзерде тутқан исиңнен қашан болса да шетлеўиме жол қойма. Маған өмир жолымның анық көринисин бер ҳəм мақсетимди анық түсинейин. Мен Саған толығы менен исенемен ҳəм тəғдиримди Сениң қолыңа беремен. Маған Сениң еркиң бойынша жасап ҳəм ислеп атырман ба көрсет. Өмиримде Сениң ислеген өзгерислериң ўақыттың сынақларына шыдаўын қəлеймен. Мен өзим ушын Сен нəзерде тутқан иске ўақтымды сарплаўды қəлеймен. Өзимниң ҳəзирги жағдайыма ыразы болыўды үйрет, өйткени мен Сениң мени онда мəңгиликке қалдырмайтуғныңды билемен.
Қудайым, мен Сени сүйиўши ҳəм Сениң мақсетиңе ерисиўге шақырылғанларға «ҳəммеси жақсылыққа» болатуғынын билемен (Рим. 8:28-қа қараң). Мен өзимди Сениң мақсетиңниң неден ибарат екенин билетуғындай көрсетиўди қəлемеймен. Мен өзимниң шамалаған арналыўымды билиўге өмиримди сарплаўды, ал соның менен мақсетимди жоғалтыўды қəлемеймен. Соның ушын мен Сеннен өтинемен, Қудайым, мени жарылқаған сый ҳəм талантларыңды көриўиме жəрдем бер. Жетилисиўим ушын мени өмирде алып жүр. Сыйларымды Сениң еркиңе сəйкес ҳəм Сениң даңқың ушын қолланыўыма жəрдем бер.
«Солай етип, Ийемиз ушын тутқын болған мен сизлерден жалынып сорайман: Қудайдың өзлериңизди шақырған өмирине ылайықлы түрде жасаңлар. Толық кишипейиллик, мүлəйимлилик ҳəм сабырлылық пенен жасаңлар. Бир-бириңизди сүйип, мийзамкеш болыңлар. Өзлериңизди бирлестириўши тынышлық пенен, Мухаддес Руўх берген бирликти сақлаўға тырысыңлар»
«Ҳəмме нəрсени Өз қəлеўи менен иске асыратуғын Қудайдың ерки бойынша бизлер алдын ала белгиленип, Масих арқалы таңлап алындық. Бул Масихқа бастан-ақ үмит еткен бизлердиң уллы Қудайды алғыслаўымыз ушын болды»
«Сонлықтан, ҳəй туўысқанларым, Қудайдың сизлерди шақырғаны ҳəм таңлап алғаны ҳақыйқат екенин көрсетиў ушин, еле де күш-ғайрат салыңлар. Усылай ислесеңиз, ҳеш қашан сүрникпейсиз»
«Бирақ сизлер Қудай тəрепинен таңланған адамлар, Патшаның руўханийлери, мухаддес миллет ҳəм Қудайға тийисли халықсыз. Сизлер өзлериңизди қараңғылықтан Өзиниң əжайып нурына шақырған Қудайдың таң қаларлық ислерин жəриялаў ушын таңландыңлар»
«Қудай Өзи алдын ала белгилеген адамларын шақырды, шақырған адамларын ақлады, ал ақлаған адамларын уллылыққа еристирди»
ОН БЕСИНШИ БАП
Бир күни радиодан мен Лос-Анджелестеги бир үлкен топардың ағзалары менен интервьюди еситтим. Сол ўақытта қалада жынаятшылықтың дəрежеси жүдə жоқары еди. Жынаятшылар адамларға туўры автомобильдиң айнасынан тəртипсиз от ашты, түрли топарлардың тəрепинен оғада көп сандағы адам өлтириў ислери исленди. Сол интервьюде қатнасқан жас адамлар өзлериниң жынаятшыларға қосылыўының баслы мақсети қандай да топарға тийисли болыўға күшли қəлеўи болғанын айтты. Зəрреңди ушырып жиберетуғындай туўрылық пенен олар өзлериниң қандай да жынаятшылар бирлеспесине қабыл етилиўи ҳəм оның ағзаларының қоллаўын алыў ушын ҳəмме нəрсеге таяр болғанын мойынлады. Усы ушын олар қатыллық ислей алатуғын еди.
Айырымлары егер сен биринши көринген адамды өлтире алсаң, жынаятшылықтың толық ҳуқықлы ағзасы бола алатуғынын ашық айтып берди. Бундай қатыллықтың мəниси тазадан келгенге қойылатуғын талапларға толық сəйкес келетуғыныңды ҳəм өзиңниң жынаятшылығың менен ҳəмме нəрсеге барыўға таяр екениңди дəлиллеўден қуралған еди. Айырым жас адамлар өзлерин усындай усыныстың қандай жеркендиргени ҳəм олар жынаятшылыққа басқа шəртлерде кириўди қəлейтуғыны ҳаққында айтып берди. Бирақ, жынаятшылық бирлеспесине тийисли болыўды қəлеў жоқары болғанлықтан, оларға оның шəртлерин қабыл етиўге туўра келетуғын еди. Бул ашылыслар бизлерди, жергиликли турғынларды қорқынышқа дуўшар етти ҳəм бизлер улыўма ҳəлсиз екенимизди түсиндик.
Үйиниң қасында тыныш сейил етип жүрген досларымыздың биреўине еки жас адам жақынлады. Бул екеўи сол күни тыныш, қолайлы көшеде гезип жүр еди ҳəм бизлердиң достымызға дус келди. Жас өспиримниң биреўи пистолет шығарды ҳəм танысымызға тақап атты, буннан кейин жынаятшылар жасырынды. Я тонаўшылық, я басқа түрдеги қаслық болмады. Бирақ достымызды периштелер сақлағанға уқсайды, себеби ол тири қалды. Солай болса да ол жүдə қатты жəбир көрди, сонлықтан жақсы көретуғын экспертлик жумысы менен басқа шуғыллана алмады ҳəм оған бир неше жылды емлениўге сарп етиўге туўра келди.
Сол интервьюдиң қатнасыўшылары болған жас адамлар тийисли болған жынаятшылығынан тысқары өмириниң мəнисин көрмейтуғын еди. Олардың көпшилиги əкесиз тəрбияланған, ал айырымлары улыўма жетим еди. Егер сол жас адамлар беккем шаңарақларда өскенде, егер олар жақынларының сүйиспеншилигин сезгенде, онда олар усы набыт етиўши жолға ҳеш қашан түспеген болатуғынына исенемен. Бул тек жəне бир мəрте адамлардың бир-бирине қатты мүтəжлигин дəлиллейди. Егер шаңарақта оның ағзалары арасында Қудайға унамлы дурыс қатнаслар қурылмаған болса, онда балалар бундай қатнасларды көшеден излейди ҳəм нəтийжеде жынаятқа тартылған болып шығады. Усылай жынаятшылық келип шығады. Бизлердиң ҳəммемиз шаңараққа, досларға, қандай да инсанлық бирлеспеге қатнаслылықтың сезимине мүтəжбиз. Егер сен бундай талапты сезбесең, демек ол сениң өмириңде бəрҳа қанаатландырылған. Бизлерде тəбийий ашлық — қандай да топардың бөлеги болыўды, тынышлық ҳəм өзлеримиздиң кимге болса да кереклилигимизге исеним сезимине ийе болыў ушын оған тийисли болыўды қатты қəлеў жасап атыр. Бирақ, егер бизлердиң биологиялық ата-аналарымыз беккем шаңарақты қура алмаған болса, қапа болыўдың кереги жоқ, себеби бизлер ушын жақсы жаңалық бар: Қудай бизлерди көплеген қатнасларда жүдə əҳмийетли болған руўхый шаңараққа алып барады.
Руўхый шаңараққа ийе болыў қандай əҳмийетли
Қудай — бизлердиң Әкемиз. Бизлер — Оның балалары. Сонлықтан, барлық Ийса Масихқа исениўшилер — туўысқанлар. Бир үйге сыйдырыў ушын бизлер жүдə көппиз, соның ушын Қудай бизлерди өзлеримиз жəмəəт деп атайтуғын түрли үйлерге орналастырады. Бизлердиң жəмəəт-шаңарақларында бир-биримиз бенен қатнасымыздан бизлердиң əўметимиз ғəрезли. Жəмəəтте адамлар менен қатнасымызды қалай қуратуғынымыз, бизлердиң руўхый өсиўимизге тəсир етеди. Қудайдың бизлердиң өмиримизге алып келетуғын адамларынан узақта болсақ мақсетимизге жетиўге қалай болса да жəрдем беретуғынын билдирмейди. Бул бизлердиң махсетимизге жетиўге қалай да жəрдем беретуғын адамлар дегенди билдирмейди, бирақ олар сəўбетлесиў мудамы бизлердиң табысларға жетиўимизге көмеклеседи. Пүткил турмысында Қудай менен бирге жүретуғын адамлар менен жақын қарым-қатнасты үзбеў əҳмийетли. Терең исениўши адамлар менен бизлердиң қарым-қатнасымыздың барысында бизлерге олардың алдында жуўапкершилик сезими жетилиседи, ал оларда болса, өз гезегинде өзлери қарым қатнаста болатуғын руўхый нəзерде күшлирек жетекшилердиң алдында сондай жуўапкершилик сезимин дүзеди. Руўхый өскен масихыйға есап беретуғын болыў ҳəр биримиз ушын əҳмийетли себеби бизлердиң ҳəммемиз алданып қалыўымыз мүмкин. Бизлердиң ҳəр биримиздиң ҳəлсизлигимиз бар, соның ушын ҳақыйқый жарықлықта көриўге уқыплы адамларға мүтəжбиз. Бизлер əдил сынды буза алмайтуғын қатнасларға мүтəжбиз.
Бул сенде ибадатхана басшылары ҳəм келиўшилери менен қатнаста машқала болмайды дегенди билдирмейди. Бирақ, түрли қарсылықларды өзиңниң надурыс орында екениңе белги сыпатында қабыллаў керек емес. Қәлеген қарым-қатнаслар жетилистирилиўге ҳəм тазаланыўға мүтəж. Қарым-қатнаслардағы қыйыншылықларды жеңип өтиў тек дослықты байытады. Бирақ қəлеген жағдайда бизлердиң руўхый шаңарақтың ишиндеги қарым-қатнасларымыз қоллаў дуўасына мүтəж.
Сениң душпаның сени руўхый шаңарақтың ямаса Қудайдың адамларының арасында көриўди қəлемейди, себеби усы дослықтың саған қаншелли жақсы тəсир ететуғынын биледи. Ол руўхый шаңарақтың қоллаўысыз сениң руўхый өсе алмайтуғыныңды биледи. Ол руўхый шаңараққа қосылмай, оған өзиңди бағышламай сениң буны қəлесең де қəлемесең де, наразылық көрсетиўшилердиң қатарында болатуғыныңды биледи. Ол егер сен өзиңниң руўхый шаңарағыңның ағзалары менен байланыста болмасаң, өзиңди Қудай қалай жаратқан болса, ҳеш қашан сондай бола алмайтуғыныңды биледи. Соның ушын ол усы қатнастан сени узақластырыўға бар күши менен ҳəрекет етеди ҳəм соның ушын сен өзиңниң терең исениўши адамлар менен қатнасыңның беккемлениўи ушын дуўа етиўиң керек.
Дослардан да жоқары
Мухаддес Китапта досты дурыс таңлаў ҳаққында сораўға көп итибар бөлинген, бизлер бул тақырыпты шетлеп өте алмаймыз. «Әдил адам басқаларға жол көрсетеди, əдалатсыз болса жолдан адастырады» (Сул. 12:26). Егер ўақыттың өтиўи менен бизлер ҳақыйқаттан досларымызға уқсас болсақ, онда демек бизлер досларды даналық пенен ҳəм абайлап таңлаўымыз керек. Жақын досларды таңлаўда бизлерди сыртқы көркемлиги, таланты, байлығы, ақылы, байланыслары ямаса ана яки мына адамның атақлылығы азғырмасын. Бизлерди қызықтырыўы керек болған баслысы — бул усы адамның Қудайды қаншелли сүйетуғыны ҳəм Оның алдында иззетленетуғыны. Егер сенде Қудайдың минсиз еркин орынлаўға бəрҳа талпынатуғын достың бар болса — өзиңде қатнаста болған сени Қудайдың жарылқаўына толтыратуғын адам бар екенин бил.
Қудайға бизлердиң өзлеримизди өзимизге жат исенбеўши адамлар менен қандай да байланыслар менен байланыстырыўымыз унамайды, бирақ бул бизлердиң Қудайды билмейтуғын ҳəммеден шетлеўимиз кереклигин билдирмейди. Улыўма ондай емес. Бизлер — исенбеўшилердиң арасында Өзиниң сөзин таратыў ушын қолланылатуғын Қудайдың қолындағы қуралмыз. Бирақ, өмиримизге тəсир етиўши жақын қатнасларға келсек, бизлер Қудайды сүйетуғын ҳəм Оның алдында иззетленген адамларда таңлаўымызды тоқтатып, оларды даналық пенен қурыўға миннетлимиз. Егер сениң жақын масихый досларың жоқ болса, Қудайдан болған адамлар сениң өмириңе кириўи ҳəм ҳақыйқый досларың болыўы ушын дуўа ет.
Ҳақыйқый досты айыра алатуғын тийкарғы жети белги
1. Ҳақыйқый дос ҳақыйқатты сүйиспеншилигинен айтады. «Душпанның мазалы сөзи емес, достың урыўы садықлықты көрсетеди» (Сул. 27:6).
2. Ҳақыйқый дос ақыллы мәсләҳәт береди. «Ийис май ҳəм əтир суўы кеўилди шад қылады, достың мəслəҳəти болса қуўаныш келтиреди» (Сул. 27:9).
3. Ҳақыйқый дос саған жүрегиңди тазалаўға жәрдем береди. «Темир темирди, адам болса достын өткир қылады» (Сул. 27:17).
4. Ҳақыйқый дос саған дана болыўға жәрдем береди. «Дана менен жүрген адам дана болады, ақмаққа жолдас болған болса набыт болады» (Сул. 13:20).
5. Ҳақыйқый дос сени сүйеди. «Сондай дос бар, ол қайғы келтиреди, дос бар, ол туўысқаныңнан да жақын» (Сул. 18:24).
6. Ҳақыйқый дос бәрҳа қасыңда. «Дос ҳəр дайым сүйиў ушын, аға-инилер де аўыр күн ушын туўылған» (Сул. 17:17).
7. Ҳақыйқый дос — бахытсызлықта жәрдемши. «Биреў болғаннан екеў болған жақсы, себеби олардың биргеликтеги мийнетине жақсы сый бар. Себеби егер биреўи қуласа, онда екиншиси жолдасын турғызады. Бирақ жалғыз болғанға қайғы болады, қулаған ўақтында оны турғызатуғын басқасы болмайды» (Ўаз 4:9–10).
Егер сениң жоқарыда санап өтилген қəсийетлерге ийе досларың бар болса, оның менен дослығыңды қорға ҳəм ол ҳаққында дуўа ет. Егер досларың аталған қəлеген қəбилетлердиң ҳəммесине ийе болмаса, олар ушын дуўа ет.
Өтирик досты айыратуғын тийкарғы жети белги
1. Өтирик дос әдепсиз ҳәм әтираптағыларына ҳүрметсиз қатнаста болады. «Бирақ, өзин исениўши туўысқаныңызбан деп атап турып, бузық, нəпсиқаў, бутпараз, жалахор, мəскүнем ямаса тонаўшы болған адам менен қатнас жасамаўыңызды, ҳəтте, сондай адам менен бирге аўқат та жемеўиңизди жазған едим» (1 Кор. 5:11).
2. Өтирик дос турақсыз. «Ҳəй улым, Ийемизден де, патшалардан да қорқ, оларға қарсы бас көтерме. Себеби олардан апат күтилмегенде келеди, екеўинен келетуғын апатты ким биледи?» (Сул. 24:21–22).
3. Өтирик дос көбинесе ашыўланады. «Урысқақ пенен дос болма, ашыўшақ пенен жүрме. Болмаса сен де олардың жолына түсип қаласаң, жаныңды дозаққа илиндиресең» (Сул. 22:24–25).
4. Өтирик дос жаман бирлеспеге алып барады. «Қудайсызлар кеңесине бармайтуғын, гүнакарлар жолы менен жүрмейтуғын, мазақлаўшылар менен бирге отырмайтуғын…» (Заб 1:1).
5. Өтирик дос исенимге ийе емес ҳәм Қудайдың нызамын тән алмайды. «Қудай Ийемизди өлимнен тирилтти. Сол сыяқлы, Ол бизлердиң денемизди де Өз қүдирети менен тирилтеди. Денелериңиздиң Масихтың мүшелери екенлигин билмейсизлер ме? Масихтың мүшелерин алып, бузық ҳаялдың мүшелери қылыўға бола ма? Ҳеш қашан» (1 Кор. 6:14–15).
6. Өтирик дос ақмақ. «Дана менен жүрген дана болады, ақмаққа жолдас болған болса набыт болады» (Сул. 13:20).
7. Өтирик дос Қудайдан ҳәм Оның ўәсиятларынан узақта. «Мен Сени терең қəстерлегенлердиң, буйрықларыңды орынлағанлардың барлығы менен жақын доспан» (Заб 118:63).
Егер сенде усындай қəбилетке ийе дослар болса, Қудайдан таза дослар бериўин сора, бирақ бир ўақытта ески досларыңның өзгериўи ушын да дуўа ет.
Адамлар менен қатнаслардың сақланыўыҳаққында дуўа етиў
Адамлардың өз ара қатнасындағы анық машқалалар көбинесе қайғылы ақыбетлерге ийе. Егерде сениң ана яки мына адам менен қатнасың ақырына шекем бузылмаған болса, олардың тиклениўине жыллар кетиўи мүмкин. Адамлар менен қатнастың тиклениўине қарағанда, оның сақланыўы ҳаққында дуўа етиў аңсатырақ. Қыйын жағдайлардан шығып ҳəм дослықты сақлаўға жаслығымызда үйренгенимизден, бизлердиң ер жеткен өмиримиздеги адамлар менен қатнасымыздың жағдайы ғəрезли. Өтмишимизден алып келетуғын қарым-қатнастың əдетлери ҳəм көнлигиўлери бизлердиң адамлар менен бүгинги қатнасымызға белсенди тəсир етеди. Бизлердиң қатнасларымызға шайтан араласып ҳəм оларды бузыўға ҳəрекет етиў мүмкиншилиги жоқары. Қудайдан жақын дос болыўыңа жəрдем бериўин ҳəм саған таза ҳəм сүйиўши жүрек бериўин сора. Әсиресе, бирге жасап атырғанлар ушын дуўа ет. Мухаддес Китапта: «…Өз ара қарсы болып бөлинген ҳəр бир патшалық жоқ болады, өз ара қарсы болып бөлинген ҳəр бир қала ямаса үй қулайды» (Мт 12:25), — деп айтылған. Жақының менен қарсылықта болған ўақтыңда сен тынышлықты билмейсең.
Дөгеректегилер менен қатнасыңды жағдайдың еркине қалдырма. Өмириңде қатнаста бола алатуғын əдил адам пайда болыўы ушын дуўа ет. Таныса баслаўға ҳəрекет етпе, ал олар ҳаққында дуўа ет. Олар пайда болғанда, олардың сақланыўы ушын дуўа етип, оларды қолла. Бул сен көп досларға ийе болыўың кереклигин билдирмейди. Баслысы, сени дослар менен Қудайдың күши бирлестирсин. Бул жерде сан емес, ал сапа əҳмийетли.
Әтираптағы адамлар менен қатнаслар бизлердиң əўметимизге толық тəсир етеди. Ишки ямаса руўхый бөлеклениў — тийкары бойынша саламат емес көринис. Дурыс қурылған қатнаслар байытады, сени салмақлы қылады ҳəм өмириңдеги ўақыяларға дурыс қатнаста болыўды үйретеди. Қудайдың адамлары саған дурыс бағытта болады. Сениң адамлар менен қатнасыңның сапасы өмириңниң сапасында сөзсиз көринеди. Бул ҳаққында дуўа етиў керек.
Ҳеш тил табыса алмай атырған адамлар менен қарым- қатнасымды жақсылаўыма жəрдем бер. Атап айтқанда, мен… (өзиңниң қатнасың бузылған адамның атын ата) менен қатнасым жақсыланыўын соранаман. Өз-ара келиспей, еки адам бирге жүре алмайтуғынын мен билемен (Амо 3:3-қа қараң), соның ушын бизлерге келисим ҳəм бир пикир табыўға жəрдем бер. Бизлердиң ҳəр биримизде өзгертиў керек болған нəрсени өзгерт. «…арадағы айырып турған дийўалды» (Еф. 2:13–15) ҳəм түсинбеўшиликти буз. Мен бул адамды Сениң қолыңа беремен ҳəм өтинемен: бизлердиң қарым-қатнасымызды Өзиңе унамлы қыл, буны Өзиңниң даңқың ушын исле.
Мен шаңарағымның барлық ағзалары менен ҳəм əсиресе… (оның менен қатнасың өзиңди тəшиўишлендиретуғын шаңарақ ағзасының аты) менен қарым-қатнасымның беккемлениўи ушын дуўа етемен. Мен Сеннен өтинемен: шыпаланыў ҳəм тиклениўге мүтəж нəрсени шыпала ҳəм тикле, бизлерге жарасыўға жəрдем бер ҳəм қарым-қатнасымызды жарылқа.
Қудайым, сондай-ақ, мен Сеннен мениң Сени билмейтуғын исенбеўши адамлар менен қарым-қатнасым ҳаққында ғам шегиўиңди соранаман. Олардың жүрегин Саған қарата алатуғын сөзлерди маған айт. Мени олар ушын нур қыл. Әсиресе Сеннен… (исенбеўши ямаса Қудайдан кеткен адамлардың атын ата) ушын сорайман. Оның жүрегин жибит ҳəм Сени көре алыўы ҳəм Сениң изиңнен қалмай ериўи ушын оның көзлерин аш.
Өмириме Қудайдан адамлар келиўин сорайман: дослар, устазлар ҳəм мен ушын үлги болатуғынлар. Қудайым, ҳақыйқатты сүйиспеншилик пенен айтыўды билетуғын адамлар менен ушырасыўды маған жибер. Атап айтқанда, мен өмиримде исенимге ылайықлы, жақсы, сүйиўши ҳəм садық дослар пайда болыўын соранаман. Бирақ ҳəммесинен көбирек мен булардың исенимде беккем, қарым-қатнасы маған сыяқлы оларға да руўхый жетилисиўге жəрдем беретуғын, бизлер бирге таза жоқары дəрежелерди орнатып ҳəм оларға талпынатуғын ҳаяллар болыўын қəлеймен. Бизлердиң бир-биримиз бенен қатнасымыздың жəрдеминде дүньяға кеширим ҳəм сүйиспеншилик арқайын төгилсин. Сениң нурыңды адамларға алып барыўыма жəрдем бер.
«Солай етип, енди сизлер жат ҳəм шет жерли адам емессизлер, ал мухаддеслерге ўатанлас, Қудайдың шаңарағының ағзаларысыз. Сизлер елшилер ҳəм пайғамбарлар салған тырнақ тас үстине қаландыңлар. Ал имараттың мүйешиниң тийкарғы тасы — Масих Ийсаның Өзи болады. Онда пүткил имарат қуралып, Ийемизге тийисли бир мухаддес Ибадатхана болыў ушын өсип барады. Масих пенен қатнаста болған сизлер де Қудай Мухаддес Руўхы арқалы жасайтуғын мəкан болыўыңыз ушын, ҳəммеңиз бирликте қуралып барасызлар»
«Қудай жалғыз қалғанларға үй берер, Қамақтағыларды азат қылар, Бирақ көтерилисшилер болса қапырық жерде қалар»
«Жек көриўшилик пенен бирликте ҳəр бир жаман нийет, ашыў, ғəзеп, бақырыс ҳəм өсек сизлерден узақ болсын. Ал бир-бириңизге мийирман ҳəм жан ашыр болыңлар. Қудай сизлерди Масих арқалы кеширгендей, сизлер де бир-бириңизди кешириңлер»
«Солай екен, ендигиден былай, гөдек болмайық. Адамлардың жалатайшылығы ҳəм ҳийлекерлиги арқалы пайда болған ҳəр түрли тəлийматлардың самалы менен ана жақтан мына жаққа шайқатылмайық. Керисинше, ҳақыйқатлықты сүйиспеншилик пенен айтып, денениң басы болған Масихқа қарай ҳəр тəреплеме өсип барайық. Оның басқарыўында пүткил денениң мүшелери өз ара биригип, ҳəр бир мүше өз миннетин атқарыўы арқалы бир-бирине жəрдем берип, байаныс жасайды. Усылай етип, пүткил дене сүйиспеншилик пенен өсип, өзин беккемлеп барады»
ОН АЛТЫНШЫ БАП
Мен ҳəм балаларым ҳəммемиз 1993-жылы жер силкиниўинен қулаған, Нортридждеги (Калифорния штаты) үйимиздиң қарабаханаларын аралап жүргенимизде жыладық. Бизлер сол ўақытта үйде болғанымызда набыт болатуғынымызды түсинетуғын едик. Бул əжайып, қатты жақсы көретуғын ҳəм оны таслап кетиўди қəлемейтуғын үйимиз еди. Бирақ, жер силкиниўден бир неше ай алдын бизлер басқа штатқа, жаңа жерге көшип өттик. Бизлердиң кетиўди шешиўимизде көп муғдардағы дуўалар ҳəм үлкен ишки гүрес бирге болды, бирақ бизлер өзлеримизди Қудай алып барғанына исенимде кəмил едик. Бизлер көшпестен алдын үйди сатып үлгермедик, себеби тез кетиў кереклигин сезген едик. Егер бизлер сол ўақытта Қудайдың еркин билиўге толмағанымызда ҳəм Қудайдың шақырығына ермегенимизде, жақпаса да, бизлер жер силкиниўдиң орайында болар едик.
Қудайдың ерки — бизлер ушын пана. Мен усы апаттың ўақтында Қудай Калифорнияда болғанлар ҳаққында тəшиўишленбеди деп айтпақшы емеспен — мен тек өзлеримиздиң Оның итибарының орайында болғанымызды билемен. Енди мен сол ўақытта үйимиздиң оның таза турғынларының өлмеўи ушын сатылмағанын түсиндим. Егер бизлер Қудайдың еркин орынласақ, қəўипсизликте боламыз; егер бизлер Қудайға бойсынбасақ, Оның қорғаўынан айырыламыз.
Ҳəр биримиз Қудайдың нийетиниң орайында болыўды қəлеймиз, соның ушын қəлеген əҳмийетли қылмыс — ол таза жумысқа өтиў, таза турақ жайға көшиў ямаса усыған уқсас нəрсе болсын — ол Қудайдың келисимисиз исленбеўи керек. Бизлер Қудайдан Өзиниң еркин бизлерге ашыўын ҳəм бизлерди алып жүриўин бəрҳа сораўымыз керек; Оны түсинетуғындай етип бизлер менен сөйлесиўин сораўымыз керек. «…егер сизлер оңға шықсаңыз ҳəм егер сизлер шепке шықсаңыз, қулақларыңыздың артында: „…мине жол, онда жүр“, — деп айтып атырған сөзлерди еситесиз» (Ийш 30:21). Мен ҳəм мениң шаңарағым Қудайға Өзин еситиўимизге ҳəм Оның еркин орынлаўымызға жəрдем бергени ушын бəрҳа миннетдар боламыз.
Қудайдың ерки ҳаққында төрт ҳақыйқат
1. Қудайдың еркин орынлаў машқалалардан толық қутылыўға кепиллик бермейди. Қайғылар бизлердиң барлығымыздың бир бөлегин қурайды. Өмирдиң толықлығын ҳəм қайғының арасында тынышлықты сезиў — мине бизлер ушын Қудайдың таярлағаны. Қудайдың ерки бойынша ислеп ҳəм Қудайға унап атырғаныңа исеним, саған өмир келтиретуғын қыйыншылықларда табыслы атқара алатуғын өтиўиңе саған күш береди. Өмириңдеги кеўилсизликлер ҳəм қайғылар — бул Қудайдың сен туўралы умытып кеткениниң улыўма белгиси емес екен, себеби Қудай қайғыларды бизлердиң жетилисиўимиз ушын қолланатуғынын бил. Қудайдың жиберген сынақларына тынышсызланыў менен Қудайдың таслап кеткениниң арасында үлкен айырмашылық бар. Еки жағдайда да сен дискомфорт сезсең де, биреўи өмирге, ал екиншиси — өлимге алып барады; биреўинде сен барлық қолайсызлықларға қарамастан тынышлыққа ийесең, ал екиншисинде — яқ.
2. Қудайдың еркин орынлаў — аңсат ис емес. Ийсаның өмири Қудайға бойсыныўшы болыў — қызықлы ҳəм жеңил ис емес екенин дəлиллейди. Ийса атанақ ағашқа баратырғанда Қудайдың еркин орынлады. Ол: «Себеби Мен Өз еркимди емес, ал Мени Жибергенниң еркин орынлаў ушын, аспаннан келдим» (Юх 6:38), — деп айтты. Жалғыз Ол сол ўақытта: «Мен бүгин Қудайдың еркине бойсыныўды қəлемеймен», — деп айтыў ҳуқықына ийе еди, бирақ Ол бул сөзлерди айтпады ҳəм Әкениң еркин орынлады. Ҳəзир Ол бизлерге солай ислеўге жəрдем берип атыр.
3. Қудайдың еркин орынлаў көп қолайсызлықлар менен байланысқан. Ашығын айтқанда, егер өзиңниң Қудай менен жүриўиңде сен ҳеш қандай қысым ҳəм қолайсызлық сезбесең, онда сениң Оның еркин ҳақыйқаттан орынлап атырғаныңа гүманланыўға менде барлық тийкар бар. Мен өзимниң жеке тəжирийбемде қайғы ҳəм қəўипсизликлер Қудайға ҳақыйқаттан бойсыныўда жүретуғынлардың өзгермейтуғын жолдасы болып табылатуғынына исенимли болдым.
4. Қудайдың еркин орынлаў түсинкили болады. Қудай бизлерге таңлаў ҳуқықын усынады: Оның еркине бағыныў ямаса яқ. Бул таңлаўды бизлер күнде ислеймиз. Бизлер Оның еркин излеймиз бе? Оннан даналық сораймыз ба? Ол буйырғандай ислеўди қəлеймиз бе? «Сол себептен ақылсыз болмай, Ийемиздиң қəлеўиниң не екенин түсиниңлер» (Еф. 5:17). Күнде шешим қабыллай отырып, бизлер Оның ерки өз еркимиздиң биреўин таңлаймыз.
Қудайға өзиңниң дене қəлеўиңди қанаатландырыў ушын жасаўың унамайды, Ол сениң «Қудайдың ерки бойынша» жасаўыңды қəлейди (1 Пет. 4:2). Ол бизлерде «Өзине унайтуғын» нəрсе болыўы ушын, «Оның еркин орынлаўымыз ушын, бизлерге ҳəр бир жақсы нəрседе» минсиз болыўымызды қəлейди (Евр. 13:21). «Себеби Өзине унаған ислерди қəлеўиңиз ҳəм ислеўиңиз ушын, Қудайдың Өзи сизлерге түртки салады» (Филип. 2:13). Мен сениң «Қудайдың ҳəр бир еркине толық исенип ҳəм минсиз» болыўың ушын дуўа етемен (Кол. 4:12).
Жақсысы Қудайдың еркин билиўди Қудайға миннетдаршылық пенен баслаў керек: «Қандай аўҳал болса да, Қудайға шүкирлик билдириңлер. Өйткени Масих Ийсаға тийисли болған сизлерге деген Қудайдың ерки усылар» (1 Сал. 5:18). Қудайға өзиңе ғамхорлық етип атырғаны ушын миннетдаршылық билдир, ал кейин Оннан ҳəр бир қəдемиңди басқарыўын сора. Дурыс жолда турғаның ҳəм Оған унайтуғынды ислеп атырғаныңа исенимди сезиў — усы сезим ушын қəлеген қолайсызлыққа келисетуғындай соншелли əжайып.
«Мениң емес, Сениң қəлегениң болсын» (Лк 22:42), — деп айтқан Ийсаның изинен мен Саған: «Өмиримде мениң емес, ал Сениң еркиң орынлансын», — деп айтаман. «Қудайым, мен Сениң еркиңди орынлаўды ҳəм Сениң нызамың жүрегимде болыўын қəлеймен» (Заб 39:9). Сен мен ушын дүньяда ҳəмме нəрседен əҳмийетлисең. Мен Сениң қулың болыўды ҳəм Сениң еркиңди шын кеўлимнен орынлаўды қəлеймен (Еф. 6:6-қа қараң).
Қудайым, мениң жүрегимди Өзиңдики менен байланыстыр. Маған: «Бул туўры жол. Онда жүр», — деп айтып атырған Сени еситиўиме жəрдем бер. Егер мен Сениң еркиңди бузып атырған болсам, буны маған көрсет. Маған Сени түсине алатуғындай етип, Өзиңниң сөзиң арқалы сөйле. Қай жеринде қəтелескенимди ҳəм нышанаға тийгизе алмағанымды. Өмиримниң барлық тəреплериниң маған көрсет. Егер мен бир нəрсени ислеўим керек болса, маған уқыплылығымды ашып бер ҳəм сол бойынша ислеўге жəрдем бер. Мен тек Сен мақул тапқан нəрсени ислеўди қəлеймен.
Қудайым, мен адам өзиниң жолын бағытлай алмайтуғынын билемен ҳəм Сеннен өтинемен: аяғымның табанларын бағытла, себеби тек Сен мениң тайынланған орнымды билесең. Өзиң қойған жолдан адасыўды ҳəм надурыс орында болыўды қəлемеймен. Мен Сениң мийрасыңа ерисиўди ҳəм мени қандай етип жаратқан болсаң, сондай болыўды қəлеймен, буның ушын маған бүгин Сениң минсиз еркиңе бағыныўыма жəрдем бер.
«Маған: „Ийем! Ийем!“ дегенниң ҳəр бири емес, тек аспандағы Әкемниң еркин орынлаўшы Аспан Патшалығына киреди»
«Өйткени егер бизлер ҳақыйқатты билгенимизден соң да, биле тура гүна ислеўди даўам етсек, онда енди гүналар ушын берилетуғын басқа қурбанлық жоқ»
«Жақсылық етип азап шегиў Қудайдың қəлеўи болса, бул жаманлық ислеп азап шегиўден жақсырақ»
«Сонлықтан Қудайдың еркине бойсынып, азап шеккенлер жақсылық ислеп, жанларын исенимли Жаратқанға тапсырсын»
«Дүнья ҳəм оның қəлеўлери өтип кетеди, бирақ Қудайдың еркин орынлаған адам мəңги жасайды»
ОН ЖЕТИНШИ БАП
Жақында мен океанның туўры жағасында жайласқан бир көп қабатлы мийманханада дем алдым. Мениң апартаментлерим жоқарғы қабатта еди ҳəм барлық хананың жатақхана, мийманхана ҳəм асхананың айналары океанға қараған. Мениң алдымда ашылған көринис руўхыма тəсир ететуғын еди.
Сол жерде болған биринши күнимде оянып, пердени аштым ҳəм əтираптағы көриниске қарап айырым ойларымды дəптершеге жазыў ушын жəне төсекке жатым. Жерден айтарлықтай жоқарыда турып, мен аспан ҳəм суўдан басқа ҳеш нəрсе көре алмадым ҳəм төмендеги пляждың қумлы жалағын көриў ушын мийманхана арқалы балконға өтип ҳəм қоршаў арқалы ийилиў керек еди.
Мен ойға шүмип, усы аспан ҳəм океанның көкке араласып отырсам, тосаттан үлкен самолет айнаның артынан туўры көз алдымнан өтти. Ол жүдə жақын болып көринди. Үлкен ҳəм алға баратырған қубылыстың тосаттан пайда болыўы, қорқыныштан жүрегим сəл болмағанда тоқтап қалатуғындай мени ҳайран қалдырды. Мениң қатты қорққанымнан тысқары, мен болған ўақыяға жəне өзимниң тəсирленгениме де ҳайран болдым. Алдынлары көринген қəўипке сондай қатты тəсирленгеним мениң есимде жоқ. Ҳəммеси соншелли күтпегенде болды ҳəм буннан тысқары, мен алдын ҳеш қашан ҳаўадағы самолетты бундай жақын көрмеген едим. Қорқыныш дерлик мени қатырып таслады.
2001-жылы 11-сентяберге шекем самолет айнама ушып келиўи мүмкин екени мениң ойыма келмеген еди. Бирақ, бундай мүмкиншилик мениң түсиниўим ямаса түсинбеўимнен ғəрезсиз бар болып шықты. Қызық, бизлерди ҳəр күни жəне қандай итимал болған қəўиплер қоршаған екен — деп ойладым. Бизлер өзлеримизге жаўызлық өзиниң бар күши менен ҳүжим етип ҳəм өмиримизди улыўма өзгертемен дегенше көп нəрсени көрмеймиз.
Мен Аспандағы Әкемиздиң бизлерге өзлеримиз ойлағаннан да жақсырақ ғамхорлық ететуғынына исенемен. Бирақ бизлер буған тəбийий нəрсеге қарағандай қарамаўымыз керек, себеби бул ҳаққында бəрҳа дуўа етиўимиз керек.
Қудай бизлерди, егер тек Оған бойсынып жүрип ҳəм Оның еркин орынлаған жағдайымызда ғана қорғайды. Усы шəртлердиң биреўин орынламасақ, бизлер Оның қорғаў қатламынан айырыламыз. Бизлер қандай жолда барыўды айтатуғын Оның даўысын еситиўди тоқтатамыз. Егер Қудайдан өзлерин басқарыўды сорап ҳəм Оның буйрықларын орынлағанда адамлар қанша бахытсызлықтан қашқан болар еди. Ямаса Оны тек тыңлағанда еди!
Мен күшли қардан бир неше күннен кейин музлаған жол бойынша машинамда баратырған күнимди еслеймен. Ҳəрекетли кесилиспеден əсте өтип, мен аяғымды тормоздың педалына қойдым, себеби светофордың қызыл шырағы жанып тур еди, бирақ машина жүриўди даўам етти. Ақырында, мениң тосаттан қар себелеп үстин басқан муз жолағына өтип кеткеним анықланды. Сол кесилиспе еки тəрептен қурғақлататуғын салма қазылған бир неше тас жолды кесип өтиў орны еди. Туўры мениң алдымда барлық тəрептен машиналар жүрди ҳəм мен басқарыўды жоғалтқанымды ҳəм тоқтай алмайтуғынымды түсиндим.
«Ийса маған жəрдем бер!» — деп жалбарындым. Бар күшим менен қурғақлататуғын салмалардың бирине төмен түсип кетпеўге ҳəрекет етип, мен кесилиспениң орайына шықтым. Әтирапымда айдаўшылары басқарыўды жоғалтпаўға ҳəрекет еткен машиналар өтти. Маған қарама-қарсы жасыл автомобиль киятыр еди ҳəм мен қалай бурылғанымды ҳəм оған дүгиспегенимди ҳəзирге шекем түсинбеймен. Мениң есимде қалған жалғыз нəрсе — мен тайсалмай тынбастан дуўа еткеним. Қудай сол ўақытта сөзсиз араласты ҳəм мениң тири қалғаным ҳақыйқый кəрамат болды. Сол күни үйден шықпасымнан алдын мен дуўа етип Қудайдан мени қəўипсизликте сақлаўын сораған едим. Ол мениң дуўама жуўап бергенине мен гүманланбайман.
Усындай, өмир қыл үстинде турған ўақытта, саған Аспандағы Әке менен байланысқа ийе екениңе ҳəм Ол сени көрип турғанына исеним қатты керек. Усы сыяқлы жағдайда, бизлерге дуўаларымызға бирден жуўап керек, бирақ усындай жуўапты алыўыңа исенимли болыўың ушын, ҳəр күни дуўа етиўиң керек. Қудай — сен бəрҳа паналай алатуғын, сениң панаң, бирақ ол, егер сен Оның менен бəрҳа қатнаста болсаң ғана сен ушын ашылады ҳəм сениң шегараң болады. Мухаддес Китапта: «Ийемизден қорқыў — беккем қорған, перзентлеримизге де Өзи пана. Ийемизден қорқыў — өмир булағы, ол өлимнен қорғайды» (Сул. 14:26–27). Егер бизлер Қудайға қарасақ, Ол бизлерге қарайды.
Қудайым, мен Сениң панаңның ҳəм қорғаўыңның астында болыўды қəлеймен (Заб 90:1-қа қараң). Мени Өзиңниң қорғаўшы қатламыңның астында сақла. Сениң еркиңди орынлаўдан шетлеўиме ямаса мен ушын арнаған жолыңнан шығыўыма жол қойма. Маған жол көрсетиўши Сени бəрҳа еситиўиме жəрдем бер. Периштелериңди мени барлық жолларымда сақлаўға ҳəм қорғаўға жибер. Олар мени сүрникпеўим ушын алып жүрсин (Заб 90:12-қа қараң). Қудайым, Сен мениң панамсаң ҳəм мениң күшимсең, «апатларда тез жəрдемшимсең» (Заб 45:2-қа қараң).
Маған қарсы исленген ҳеш бир қурал əўметли болмайтуғыны ушын Саған миннетдарман (Ийш 54:17-қа қараң). Мени жоқ қылыў ушын излеп атырған əдалатсыз адамларға бермей атырғаның ушын Саған миннетдарман (Заб 36:32–33-қа қараң). «Мени көз қарашығыңдай сақла, мени қанатыңның астына ал» (Заб 16:8). Мени жаўыз адамлардың жобаларынан, күтилмеген қəўиптен қорға. «Қудайым, мени кешир, себеби жаным Саған табынады ҳəм Сениң қанатыңның астында мен тынышланаман» (Заб 56:2). Саған «Қудайым, жалғыз Сен маған жасаўға қəўипсизлик беретуғының себепли тыныш жатып ҳəм уйқлайтуғыным ушын» (Заб 4:9) миннетдарман. Мени қорғаўға ўəде бергениң ушын Саған миннетдарман. Бүгин мен усы ўəделерге өзимниң толық исенимимди жəриялайман.
«Сен Жаратқан Ийени «Үмитим» Қүдиретлини өзиңниң «қорғаўшым» дедиң. Саған жаманлық келмейди Үйиңе ҳеш қандай аўырыў жақынламайды»
«Саған қарсы исленген барлық қурал жарамсыз болар…»
«Суўлар ишинен кешсеңде, Мен сениң менен биргемен. Дəрьялардан өтсеңде, олар сени мантықтырмайды. От ишинен жүрсеңде сен жанбайсаң, От жалыны сени күйдирмес…»
«Ол Өз қанатлары астына алар, Оның қанатының астында пана табарсаң сен, Оның садықлығы сениң қалқаның ҳəм қорғаўшың болар. Сен түнги қорқыныштан, Күндиз қасыңнан ушқан оқлардан қорықпайсаң. Қараңғылықта жүрген апатлардан, Күндиз жаўызлықлардан сен қорқпайсаң. Сениң қасыңда мың адам, Оң жағыңда он мың адам қырылса да, Бирақ сен аман қаларсаң»
«Себеби Қудай периштелерине буйрық берер, Баратуғын барлық жерлериңде сени қорғасын дер»
ОН СЕГИЗИНШИ БАП
Мен алдыңғы бапта айтып бергенимдей сол балконда отырған ўақтымда, менде төменде пляжде не болып атырғанын гүзетиўге сийрек мүмкиншилик болды. Жоқарыдан маған океан түбиниң барлық ойпатлықлары ҳəм тереңликлери жүдə жақсы көринди. Мен адамлардың терең орынларда қалай жүзип баратырғаны, ойпатлықларға түскени ҳəм сол ўақытта оларға аяққа турыўға туўра келгени, себеби суў ол жерде дизелерине зорға жететуғынын көрдим. Дем алыўшылардың океанның қумлы түбинде қалай жүргенин ҳəм тосаттан тереңликке қулағанын гүзетиў қызық еди.
Мен көз алдыма мынаны келтирдим: егер менде сол адамлар менен қандай да байланыс болғанда, онда мен ҳəр сапары тереңликлерге жақынлағандағы қəўип ҳаққында оларға ескерте алатуғын едим. Бирақ оларда мениң менен байланыс жоқ еди. Соның ушын мен оларға оңымда өзимниң орнымнан көргенлеримди ҳеш хабарлай алмайтуғын едим.
Мен исенемен — дəл сол бизлердиң Қудай менен қатнасымызда да болады. Ол ҳəммесин көреди, себеби бизлерден жоқарыда. Егер бизлер Оның менен бəрҳа байланыста болып ҳəм: «Қудайым, қуламаўымыз ушын бизлерди алып жүр», — деп сорағанымызда, Ол бизлерди шуқырлықтың шетинен алып өтетуғын еди. Бирақ бизлерде көбинесе Қудай менен бундай қатнас жоқ, себеби бизлер Оған мүрəжат етпеймиз, Оның басқарыўын излемеймиз. Бизлер Оннан даналық сорамаймыз, Оның ашылысларына кириўге ҳəрекет етпеймиз. Соның ушын бизлер көбинесе сүрнигемиз ҳəм қулаймыз.
Мухаддес Китаптан белгили болғандай, Ибрайымның жийени Лут өмириниң ақырында адам нəписи болған душпанының торына түсти, себеби өзиниң ойы бойынша жақсы болған жерди өзине таңлап алды (Жар 13:10–11-қа қараң), бирақ бул жерде наҳақ адамлар қонысласқан болып шықты (Жар 13:13-қа қараң). Лут өзиниң ақылы бойынша өзине жақсы таңлаў болып көринген шешимди қабыл етти ҳəм өзиниң шешими туўралы Қудайдың не ойлайтуғыны ҳаққында қызықпады. Неше мəрте тек өзлерине дурыс көринген шешимди өзинше қабыл еткени себепли адамлар Қудайдың қорғаўынан ҳəм Оның жарылқаўынан айырылды? Олар Қудайдың даналығын ҳəм Қудайдың басқарыўын сорамады.
Усыған уқсас нəрсе сениң менен болмады ма? Егер бизлер қандай да ўақыт əдил өмир салтын алып барсақ, бул еле бизлердиң енди алдыңғы қəтелеримизди ислей алмайтуғынымызды аңлатпайды. Бизлер өткен сапары Оннан буны ислеўин сораған ўақтымызда, бизлердиң илтимасымызды орынлағаны себепли Қудай бүгин бизлерге Өзиниң еркин ашады деп ойлап қəтелесемиз. Өткен сапары болған нəрсе, енди бүгинги жағдайларда ҳəрекет етпейди. Қудайдан даналық ҳəм Оның басқарыўын бəрҳа сораў керек.
Қудай менен байланыслы ҳəмме нəрсе, тек Руўхта ашылады. «Өз тəбияты бойынша жасайтуғын адам Қудайдың Руўхы беретуғын нəрселерди қабыл етпейди. Себеби ол буларды ақмақлық деп санайды. Оларды тек Мухаддес Руўхтың жəрдеминде түсиниў керек болғанлықтан, ол түсине алмайды» (1 Кор. 2:14). Даналыққа ийе емес адамның əдепсиз қылық ислейтуғынын ямаса ақмақ шешимлерди қабыл еткениниң гүўасы болған жағдай болды ма? Усындай қəдемниң ақыбетлери сен ушын анық, ал ол ушын сырлы. Басқа адамның ақмақлығы өзиңдикине қарағанда бəрҳа көринерли. Мине, не ушын бизлер өзлеримизге күнде даналық берилиўи ушын дуўа етиўимиз керек.
Дана болыў — өмирлик жағдайларды анық көриўди, терең түсиниўди ҳəм олардың ҳəр биринде дурыс шешимлер қабыл етиўди аңлатады. Бул ҳақыйқатты өтириктен айырып билиўди, ҳəмме нəрсе туўралы ақыллы пикир айтып билиў, илажсызлықтың шегине жақынлағанда қəўипти көриўди ҳəм дурыс шешимлерди қабыл етиўди билдиреди. «Бирақ Ол, яғный ҳақыйқат Руўхы келгенде, сизлерди толық ҳақыйқатқа қарай жетелейди. Ол Өзлигинен сөйлемейди, тек нени еситсе, соны сөйлейди ҳəм келешекте не болатуғынын сизлерге билдиреди» (Юх 16:13). Бизлер даналық бизлердиң өмиримизди неше мəрте қорғағанын ҳəм бизлерди жаўызлық жолынан алып өткенин, жəне неше мəрте келешекте буны ислеў оны күтип турғанын көз алдымызға келтире алмаймыз. Солай екен, бизлер ол болмаса ҳеш еплей алмаймыз ҳəм соның ушын бизлер оны Қудайдан сораўымыз керек. Сен: «Қудайым, барлық исте маған даналық бер. Күнде даналықта жүриўиме жəрдем бер», — деп дуўа етиўиң керек.
Даналықта жүриўдиң он дурыс усылы
1. Қудайдың сөзинде болыў. «Даналыққа қулақ асып, жүрегиңди ойыңа ашсаң, билимге шөллеген, Ийемизден қорқыў не екенин түсинсең, Қудай ким екенин билесең» (Сул. 2:1–2,5).
2. Даналығыңыз берилиўи ушын дуўа етиў. «Егер араңыздағы бириңиздиң даналығы кем болса, ҳəммеге сақыйлық пенен, айыпламай беретуғын Қудайдан сорасын. Қудай оған береди» (Яқ 1:5).
3. Ҳәмме нәрседе Қудайды билиў. «Барлық исиңде Қудайды бил, сонда Ол жолыңды туўырлайды» (Сул. 3:6).
4. Қудайдан қорқып, ҳүрметлеп жүриў. «Даналықтың басы — Қудайдан қорқыў, Қудайды билиў — ақыл» (Сул. 9:10).
5. Дана адамларды таңлаў. «Даналардың сөзлерине қулақ сал, кеўлиңди билимине аш» (Сул. 22:17).
6. Ҳәммесинен жоқары даналықты баҳалаў. «…Сөзлеримди жүрегиңе жайлап ал, буйрықларымды орынла, сонда жасайсаң. Дана бол, ақыллы бол, оларды умытпа, сөзлеримнен шықпа» (Сул. 4:5–6).
7. Бойсыныўда жүриў. «Ол əдил ушын қутқарылыўды сақлайды, туўры жүретуғынларға Өзи қалқан болады» (Сул. 2:7).
8. Мөмин болыў. «Менменлик пенен шерменделик келеди, даналық болса мөминлик пенен» (Сул. 11:2).
9. Жақыныңды сүйиў. «Қоңысысын кемситкен ақылсыз, ақыллы тынышлық сақлайды» (Сул. 11:12).
10. Дүньяның емес, ал Қудайдың даналығын излеў. «Бирақ, сизлер өмириңиздиң тийкары болған Қудай себепли, Масих Ийса менен қарым-қатнасқа ийесиз. Масих бизлер ушын Қудайдың даналығы болып, бизлерди ақлап мухаддес қылды ҳəм гүналарымыз ушын төлем төлеп қутқарды» (1 Кор. 1:30). «Олай болса, дана адам қəне? Алым қəне? Ҳəзирги заманның ойшылы қəне? Қудай дүньяның даналығын ақылсызлыққа айландырмады ма? Себеби дүньяның өз ақыл-даналығы менен Қудайды билмеўи Қудайдың даналығы бойынша болды. Сонлықтан, Қудай исенген адамларды бизлердиң ақылсыз деп саналған ўазымыз бенен қутқарыўды мақул көрди» (1 Кор. 1:20–21).
Даналықты сораўдың он баслы белгиси
1. Дана адам өмириниң узақлығы, байлығы ҳәм қәдири менен рәҳәтленеди. «Оң қолында узақ өмир, Сол қолында болса байлық ҳəм даңқ бар» (Сул. 3:16).
2. Дана адам өмирине кеўли тоқ. «Жоллары — жағымлы жоллардур. Аўа даналықтың пүткүл жоллары тынышлыққа шығарар» (Сул. 3:17).
3. Дана адам өмирдиң толықлығы менен рәҳәтленеди. «Даналық оны услап турғанлар ушын өмир тереги сыяқлы, оны сақлағанлар болса бахытлы» (Сул. 3:18).
4. Дана адам қәўипсизликте жасайды. «Жолыңда аман-есен жүресең, аяғың болса сүрникпейди» (Сул. 3:23).
5. Дана адам дем алыстан рәҳәтлене алады. «Қорқынышсыз жатасаң, уйқың мазалы болады» (Сул. 3:24).
6. Дана адам өзине исенеди. «Себеби Ийемиз қасыңда болады, сени сүрнигиўден сақлайды» (Сул. 3:26).
7. Дана адам қорғалған. «Даналықтан жүз бурма, сени қорғайды, оны сүй сени асырайды. Жүрегиңде тосқынлыққа ушырамайсаң, жуўырғаныңда сүрникпейсең» (Сул. 4:6,12).
8. Дана адам ислеринде әўметли. «Оны ҳүрмет қыл, сени аспанға көтереди, оны қушақла, сени даңққа еристиреди» (Сул. 4:8).
9. Дана адам жаўызлықтан қутқарылады. «Себеби жүрегиңе даналық киреди, руўхың болса билимнен рəҳəтленеди. Санаң сени қорғайды, ақылың болса қараўыллайды. Жаман жолдан, жаўыз сөйлейтуғынлардан сақлайды» (Сул. 2:10–12).
10. Дана адам өзиниң билимлерин көбейтеди. «Даналар тыңлап билимин көбейтсин, ақмақ болса жол-жоба алсын» (Сул. 1:5).
Мəслəҳəтти Қудайдан сора
Адамлардан мəслəҳəт сорамастан алдын Қудайға мүрəжат етиў керек. Мен исенбеўши шыпакердиң ямаса юристтиң мəслəҳəтлерин еситиў керек емес деп айтпақшы емеспен — мен биреўге мүрəжат етпестен алдын Қудайдан кимге барғаның жақсы екенлигин ҳəм кейин Қудайдан сол адамға сениң менен бөлисе алатуғындай даналық ҳəм билим бериўин сора. Қудайдан, егер излесең мағлыўматыңның дереги Оннан шықпаса сени қорғаўын сора. Оннан өзиңди динге берилмеген мəслəҳəтшилер менен қатнастан қорғаўын ҳəм жолыңа əдил ҳəм дана адамларды қойыўын сора.
Айрықша қызығыўшылығымнан мен сол ўақытта төменге пляжге түстим ҳəм жоқарыдан көрген сайызлардың биреўи бойынша жүрдим. Ең жоқары жерине шығып, мен тереңликтиң қай жерден басланатуғынын анықлаўға ҳəрекет етип, суўға қарадым. Мен бир тəрепте күшли жар тас бар екенин билетуғын едим ҳəм исенимли түрде оның ең шетине қарай жүрдим. Бирақ тосаттан сайыздың жийеги сынды ҳəм мен оның менен бирге қулаўды жоқарыдан гүзеткенимде барлық жүзиўшилер менен болған нəрсе мениң менен де болды. Демек, мен өзиме исениўшилигим тийкарынан «суўға басттым», ал мениң өзим, суўға жаўрап қалып, изге қарай жағаға жүздим. Мен өзимниң билимиме қандай исенимли болсам да, ҳеш ўақытта өзиңе исенимли болыў керек емеслигин түсиндим. Бизлерге қәлеген мəселе бойынша Қудайдың даналығы ҳəм Қудайдың мəслəҳəти керек, себеби тек Ол ҳəмме нəрсе ҳаққында барлық ҳақыйқатты биледи.
Қудайым, маған мəслəҳəтти тек диншил адамлардан сораўды ҳəм дүньяға ҳəм əдалатсыз адамларға мүрəжат етпеўди үйрет. Қудайым, мени бəрҳа, түсимде де ақылландырып атырғаның ушын Саған миннетдарман. «Өмирдиң жолын маған көрсетип атырғаның ушын» Саған миннетдарман (Заб 15:7–11-қа қараң).
Мен Сениң ўəсиятларыңды ҳəм Сениң сөзиңди жақсы көремен. Олар туўралы күни-түни ойлаўды маған үйрет. Мухаддес Китаплық аятларды жақсы еслеп қалыўыма жəрдем бер ҳəм жүрегиме Өзиңниң сөзиңди жасыр. Қудайым, мен: «Өзине исенген ақмақ, ақыл менен жүретуғын болса жубаныш табатуғынын» билемен (Сул. 28:26). Мен өз жүрегиме исениўди қəлемеймен; мен бəрҳа даналықта жүриўим ҳəм ҳеш ўақытта ахмақлық ислемеўим ушын Сениң сөзиңе ҳəм Сениң мəслəҳəтиңе исениўди қəлеймен. Мени дана адам қыл.
Сен Өз сөзиңде əдиллерге даналық беретуғыныңды айттың (Нақ.мақ. 2:6–7-қа қараң). Әдилликте ҳəм минсизликте ҳəм Сениң ўəсиятларыңа бойсыныўда жүриўиме жəрдем бер. Өзимниң көз алдымда ҳеш ўақытта дана болмайын; мен бəрҳа Сениң атыңның алдында қорқынышқа ийе болайын. Сениң сөзиң ўəде еткениндей бəрҳа саў-саламат болыўым ушын жаўызлықтан узақласыўыма жəрдем бер (Сул. 3:7–8-қа қараң). Мүтəж болған даналық, билим, түсиниўшилик ҳəм ақылды маған бер ҳəм мени қəўипсиз жолда жүрип ҳəм сүрникпеўим ушын шайтанның торларынан сақла (Сул. 2:10–13-ға қараң). Қудайым, Сен Өзиңди «ақыл-даналықтың пүткил ғəзийнеси жасырылғанын» айттың (Кол 2:3). Усы ғəзийнелерди табыўыма жəрдем бер.
«Жаратқан Ийеден қорқыў — Даналықтың басы. Мухаддес Қудайды билиў — ақыллы болыў. Себеби Мен арқалы өмириң узақ болар»
«Ҳақ адамның аўзынан даналық шығар, Оның тилинде əдиллик болар. Қудайының нызамы оның жүрегиндедур, Шайқалмас оның аяқлары»
«Үй даналық пенен қурылар, ақыл менен беккемленер. Билим менен үйдиң иши ҳəр түрли қымбат ҳəм əжайып байлыққа толар»
«Мени шақыр, саған жуўап беремен, Ол билмейтуғын уллы ҳəм ақыл жетпес нəрселерди саған көрсетемен»
«Егер сен ақылды шақырып, Оған шын кеўлиңди берсең, Гүмис ҳəм ғəзийне излегендей оны излесең, Жаратқан Ийеден қорқыўды түсинесең, Ҳəм Қудай ҳаққында билимди табасаң»
ОН ТОҒЫЗЫНШЫ БАП
Мен Қудайды өзимниң Қутқарыўшым сыпатында билемен. Ол мени көп нəрседен, соның қатарында алкогольге, нəшебентликке қумарланыўдан, қорқыныштан, депрессиядан, қəўетерден ҳəм кек сақлаўдан азат етти. Айырым ўақытлары Қудай мени бирден азат ететуғын, ал айырым ўақытлары шыпаланыў барысы бир неше жылға созылатуғын еди. Айырым ўақытлары маған ораза тутыўға ҳəм өзимниң азат болыўым ушын узақ дуўа етиўме туўра келетуғын еди, ал айырым ўақытлары мен алатуғын едим. Азат болыў қандай образда болса да, ең баслысы оның болатуғынында. Ўақты-ўақты бизлердиң ҳəммемиз бир нəрседен азат болыўға мүтəжбиз, ал буның себеби бизлердиң руўхыйлығымызға қарамастан, бизлер бəри бир еле денеде жасайтуғынымызға жасырылған. Өмиримиздиң қаншелли жақсы болыўына қарамай, бизлерде еле əтирапымызда жаўызлықтың қорғанын көтериўге ҳəрекет етип атырған душпан бар. Қудай болса бизлерди Өзинен не узақластыратуғын, не байланыстыратуғын ҳəм не услап туратуғын болса бəринен азат етиўди қəлейди.
Ийса бизлерге былай дуўа етиўди үйретти: «…шайтаннан қутқара гөр» (Мт 6:13-қа қараң). Ол бизлерге, егер бизлер оған мүтəж болмасақ бундай буйрықты қалдырмаған болар едик. Бирақ көбинесе бундай етип дуўа етпеймиз, ал Масих улыўма ҳеш нəрсе айтпағандай өзимиздиң ойымызша ислеймиз. Әдетте бизлер Ийсаның бизлердиң еркинлигимиз ушын үлкен қун төлегенин билмейтуғындай болып жасаймыз. Ийса: «…бизлерди ҳəзирги жаўыз заманнан қутқармақшы болып, гүналарымыз ушын Өзин қурбан етти» (Гал. 1:4). Ол келешекте де бизлерди азат етиўди қəлейди.
Қудай сени азат етиўди қəлейди
Сенде оларды ҳеш қашан жеңе алмайтуғындай көринип баслайтуғын аўыр финанс дағдарысы бар ма? Сени бирдей кеўилсизлик, я диагноз қойып, я емлей алмай атырған аўырыў гүзетип жүр ме? Өзиңниң барлық жетискенликлериң ҳеш нəрсеге турмайтуғындай сезим бола ма? Сен алкоголь, нəшебентлик, порно фильмлер ямаса қумарлы ойынлар сыяқлы нəрселерге жеңип болмайтуғындай умтылысты ямаса артық қызығыўшылықты сезесең бе? Сени бузық өмир салты тарта ма? Бəлким, сен, өзиңниң қандай да адамға қарсылық қатнасыңды өзгертетуғындай жағдайда емес шығарсаң? Ямаса сенде өмириңде əҳмийетли роль ойнайтуғын адамлар менен қатнас аўыр ма?
Айырым ўақытлары саған Қудай өзиңнен алыстай көринбей ме? Дуўаларыңды ҳеш ким еситпейтуғындай ҳəм оларға жуўап бермейтуғындай көрине ме? Өмириңде Қудайдың қуўанышы емес, ал кеўил қалыў ҳəм қапашылық бар ма? Бир машқалаға ямаса əдетке қайта-қайта қайтатуғын, бир қəтени қайталайтуғын ўақыт болды ма? Өзиңе қанаатланбаўшылық сезими сени қоршай ма? Егер сен усы сораўлардың биреўине аўа деп жуўап берсең, менде сен ушын хабар бар: Қудай сени азат етиўди қəлейди. Ол сениң қутқарыўшың болыўды қəлейди (Рим. 11:26-қа қараң) ҳəм «өлимге алынғанларды қутқарыўға» ўəде береди (Сул 24:11-қа қараң).
Душпан сениң қəлеген ҳəлсизлигиңди қолланып ҳəм усы ҳəлсизликти өзиңе қарсы қурал қылатуғынын билесең бе? Бизлер көбинесе шайтанның жобалары менен келисемиз ҳəм ҳəммесин өзгертиў бизлердиң күшимизде екенин билмеймиз. Бизлер өзлеримиздиң исимиз келиспейди, бахытсыз болыў маңлайымызға жазылған деп ойлаймыз, ал ҳақыйқатында бул шайтан бизлерге қарсы ҳəрекет етип атыр. Бирақ Ийса бизлерди усының ҳəммесинен азат етиў ушын жерге келди. Ол бизлерди набыт етиўге талпынып атырған душпанды жеңиўге жəрдем бериў ушын келди. Қудай қəпестегилердиң ҳəм тутқындағылардың налышын еситеди (Заб 101:21-қа қараң). Егер сен Оған жалбарынсаң, Ол сени азат етеди. Себеби, «егер Ул сизлерди азат қылса, ҳақыйқаттан азат боласызлар» деп айтылған (Юх 8:36). Душпан қандай күшли болмасын, Қудай сени азат етиўге уқыплы ҳəм шексиз үлкен күшке ийе.
Қудай сени тек сүйгени ҳəм сени алғаны себепли емес, ал Өзине «…қорқпастан, өмир бойы Оның алдында мухаддес ҳəм ҳақ болып…» хызмет етиўимиз унамлы болғаны себепли азат етиўди қəлейди (Лк 1:74–75). Солай екен, бизлер жаўызлықтан бас тартыўға миннетлимиз. Мухаддес Китапта: «Әдилдиң жолын жаманлықтан узақластырады, жолын сақлаған болса өз жанын асырайды» (Сул 16:17), — деп айтылған. Бизлер, сөзсиз өмиримизде болып атырғанларға жуўапкершиликлимиз, бирақ бизлер бийлигинен азат болыўымыз керек болған душпан өмиримизде еле ҳəрекет етип атырғанын умытпаўымыз керек.
Қалай еркинликке ийе болыў керек
Жалғызлықта айтылған дуўадан кейин (Заб 71:12-қа қараң) ямаса руўхый күшли исениўши адам менен бирге (Заб 33:16-қа қараң), ямаса Қудайдың сөзин оқыўдан кейин (Юх 8:31-қа қараң), ямаса Қудайдың барлығында турақлы болыўдан кейин азатлық болады. Алғыс ҳəм сыйыныў — мине Қудайдың барлығын сезиўдиң ең тəсирли ҳəм күшли усылы. Бизлер Қудайды алғыслаған ўақытта ҳəр сапары руўхый өмирде бир нəрсе жүз береди ҳəм жаўызлықтың күшине жоқ қылатуғын соққы бериледи. Бул Қудайдың «алғыслайтуғынлардың арасында жасайтуғынынан» (Заб 21:4) болады ҳəм солай екен, сен Оның барлығындасаң. «Ийемиз — Руўх. Ийемиздиң Руўхы бар жерде азатлық бар» (2 Кор. 3:17).
Мухаддес Китапта: «Қудайдың периштелери Оннан қорқатуғынлардың əтирапында болады ҳəм оларды азат етеди» (Заб 33:8), — деп айтылған. Шайтан саған машқалаңнан ҳеш ўақытта қутқарыла алмайсаң деп сыбырлаўды баслағаннан, усы өтирикти қуў, Қудайды алғысла, себеби Ол — сениң Қутқарыўшың. Қудай сени Өзин алғыслаған ўақтыңда азат етеди. Ал егер сен азат болсаң, бул ҳаққында басқаларға айт (Заб 106:2-қа қараң).
Егер сен жəне ески гүналарыңды ислеп ҳəм төменге домалап баратырғаныңды көрсең, онда қапашылық ҳəм қайғыға ўақыт сарплама. Егер өтмиште кеткен нəрсе, өмириңде жəне пайда болса, қапа болма, себеби мына нəрсе болып атыр: сен аўырыўдың тереңирек қатламынан азат болып атырсаң. Бул сениң ески нəрсеге қайтып атырғаныңды билдирмейди, бул сениң толық шыпаланып атырғаныңды аңлатады. Жаныңның тереңлигине тийген ўақытта, бул азат болыўдың биринши басқышына қарағанда көбирек аўырыў келтириўи мүмкин. Қудайға исен ҳəм өмириңди оның қолына бер ҳəм Ол сени өзи орнатқан ўақытта азат етеди (Заб 30:16-қа қараң).
Азатлық Қудайдан болатуғынын бил, бирақ буның узақ барыс екенин есте тут. Қудай «бизлерди усындай үлкен өлим қəўипинен қутқарды ҳəм еле де қутқара береди. Сизлердиң дуўларыңыздың жəрдеминде Қудай бизлерди еле де қутқара береди деп, бизлер Оннан үмит етемиз» (2 Кор. 1:10). Қудай баслаған исин бəрҳа ақырына жеткереди, соның ушын, егер еркинлик сен күткеннен көбирек ўақытты ийелесе, қолыңды түсирме ҳəм қайғырма. «Сизлердиң араңызда жақсы исти баслаған Қудайдың буны Масих Ийсаның күнине шекем толық тамамлайтуғынына анық исенемен» (Фил. 1:6).
Қудай сениң əдиллигиң жарқырайман дегенше, ал сениң қутқарылыўың жанып турған шыраның нурындай боламан дегенше тынышланбайды (Ийш 62:1-қа қараң). Азатлық сени қандай да басқа жаратылыс қылмайды, бирақ сен өз-өзинен — ақыллы, өзиңе исенимли, сүйиўши, талантлы, жақсы ҳəм ақыллы, Қудайдың əжайып қызы болыўың ушын қайта тикленесең.
Қудайым, өмиримде душпанның көтерген барлық қорғанларын көре алмайтуғынымды билемен, себеби мен Саған сүйенемен ҳəм маған оларды көрсететуғыныңа үмит етемен. «Тутқынлардың азат болатуғынын, соқырлардың көретуғынын хабарлаўға, азап шеккенлердиң еркинликке шығыўы ушын» келгениңе Саған миннетдарман (Лк 4:18-қа қараң). Сенсиз мен өз қəлеўлеримниң тутқыны, көзлерим соқыр ҳəм ҳақыйқатты көрмейтуғын болып қаламан ҳəм мен азапланғанлардың қатарында қаламан. Бирақ Сениң менен мениң толық азат болыўым жүз береди. «Өмирим Сениң қоыңда. Қутқар мени дупанларымның қолынан, ҳəм мениң изиме түскенлерден». (Заб 30:16).
Мен өзимниң азат болыўым Сенде қуралғанын билемен. Саған миннетдарман, себеби Сен «көплеген суўлардан алып шықтың, мени күшли душпанымнан қутқардың» (Заб 17:17–18-ға қараң). Масихтың берген азатлығында беккем турыўыма жəрдем бер ҳəм жəне қуллықтың аўырлығына түспеўиме жəрдем бер (Гал. 5:1-қа қараң).
Қудайым, мени Өзиңнен узақластыратуғын ҳəмме нəрседен азат етиўиңди сорайман. Әсиресе мени… (азат болыўың керек болған машқаланы ата) азат етиўиңди сорайман. Мен денениң шақырығын еситип, душпанға есик ашқан ўақыттағы ҳəр бир жағдайға өкинемен. Маған бойсынбаўшылық көрсеткен барлық жағдайларды көрсет ҳəм мени Сениң еркиңди орынлаў жолына қайтар. Ҳақыйқат жолынан жүриўге даналық бер ҳəм мени төменге тартып атырған ҳəмме нəрсениң үстине көтерилиўге күш бер (Сул. 28:26-қа қараң).
Мен денеде жасағаным менен, күшим онда емес екенин билемен, себеби «Бизлер дүньяда жасап атырған болсақ та, дүньяның жолы менен урыспаймыз. Бизлердиң урысымыздың қураллары дүньяға тийисли қураллар емес, ал душпанның беккем қорғанларын қыйрататуғын Қудайдың қүдиретине ийе болған қураллар» (2 Кор. 10:3–4). Ийсаның атынан мен өмиримде душпанның көтерген шайтанның барлық қорғанлары түбинен бузылыўын сорайман. Қараңғылық мениң алдымда нур, ал мениң қыйсық жолларым — дүзиў болсын (Ийш 42:16-қа қараң). Менде жақсы ис ислеўди баслаған Сен, оны ақырына шекем жеткеретуғыныңды билемен (Фил. 1:6-қа қараң). Жеңилмеўим ушын маған сабырлылық ҳəм Сениң сөзиңде болыўым ушын күш бер.
«Ҳақ адамлар жалбарынғанда, Жаратқан Ийе еситер, Пүткил қайғыларынан оларды қутқарар»
«Қайғы күниңде мени шақыр, Мен сени қутқараман, Сен де Мени алғысларсаң»
«Саған Аспан Патшалығының гилтлерин беремен. Сен жер бетинде нени байласаң, сол аспанда да байланады, жəне де, сен жер бетинде нени шешсең, сол аспанда да шешиледи, — деп жуўап берди
«Өзине исенген ақмақ, ақыл менен жүретуғын адам аман болар»
«Жаратқан Ийе былай дейди: Мени сүйгени ушын оны қутқараман, Мени жақсы танығаны ушын, оған қалқан боламан»
ЖИГИРМАЛАНШЫ БАП
Алдын мен қəўетер, депрессия, қорқыныш ҳəм үмитсизликтеги өмир əпиўайы көринис деп ойлайтуғын едим. «Бəлким, мен сондай шығарман», — деп те ойлайтуғын едим. Бирақ мен Қудайға исенип ҳəм Оның жолларында жүриўди баслаған ўақтымда, Қудайға исенип ҳəм бойсынатуғынға ҳəмме нəрсе мүмкин екенин түсиндим. Жаман сезимлерсиз жасаўға болатуғын болып шықты. Егер бизлер Оннан бул ҳаққында сорасақ, ол бизлерди қалың ҳөл көрпе сыяқлы азат етеди. Соның ушын бизлер бул ҳаққында дуўа етиўимиз керек.
Сенде өзиңди Қудай таслап кеткендей сезим болды ма? Егер аўа болса, онда сен жалғыз емессең, истиң негизи бойынша сен жүдə жақсы топардасаң. Тек миллионлаған басқа адамларға ғана емес, ал Ийсаға да усындайды бастан өткериўге туўра келди. Өзиниң өмириниң ең қайғылы саатында Ол: «Қудайым, Қудайым! Неге Мени таслап кеттиң?» — деп айтты. Бизлердиң ҳəр биримизде өзлеримизди жалғыз ҳəм тасланды сезген аўыр ўақытлар болды. Бирақ ҳақыйқатында бул ондай емес. Қудай бəрҳа бизлер менен ҳəм егер бизлер Оған барсақ, бизлерге жəрдем бериўге бəрҳа таяр. Машқалалар ҳəм апатлардың ортасында жаман сезимлерге берилмеўимиз керек. Бизлер оларға олар ҳаққында Қудайдың сөзиниң айтатуғын ҳақыйқатын жəриялап, дуўа етиўде қарсы тура аламыз.
Жаман сезимлерден азат болыўдың жети дурыс усылы
1.
Қəўетер ҳəм тəшиўишти бастан өткерип, бизлер өзлеримизге ғамхорлық ете алатуғын Масихқа исениўди тоқтатамыз. Бирақ, Ол егер Оған мүрəжат етсең Өзиниң садықлығын əлбетте дəлиллейди. «Сонлықтан да, не ишип, не жейтуғыныңызды излеп, тəшиўишленбеңлер» (Лк 12:29). Қудай бизлерге ҳеш нəрседе тəшиўишленбеўимиз кереклигин, бирақ ҳəмме нəрсе ҳаққында дуўа етиўимиз кереклигин айтады.
2.
Ғəзепленген адам өзиниң əтирапындағы ҳəмме нəрсени жоқ қылады ҳəм нəтийжеде аўыр қəтелерди ислейди. «Ғəзепли адам жəнжел шығарады, қызба болса көп гүна ислейди» (Сул. 29:22). Көп еркеклер ғəзепте ҳаялларын урады ҳəм өзлериниң өмирин мəңгиге набыт етип, оларды өлтиреди! Қанша ашыўланған ҳаяллар қурбанлыққа өзлери ушын Қудайдың таярлағанын алып келип, адамлар ҳəм шаңарағы менен қатнасын бузады! Тек ахмақ адам ғəзепте тез, дана болса өзиниң ашыўын биреўге төгип өмир менен қун төлеўди қəлемейди. «Руўхың менен ғəзепте асығыс болма, себеби ғəзеп ақмақлардың жүрегинде уялайды» (Ўаз 7:9). Қудайдан саған Өзи ўəде еткен жарылқаўларды алыўың ушын ғəзептен сақлаўын сора.
3.
Қудай саған рəҳəтти ўəде етеди: «Демек, Қудайдың халқы ушын ҳақыйқый дем алатуғын ўақыт келеди»[7] (Евр 4:9). Қəлеген жағдайда тынышлық, рəҳəт ҳəм қуўаныш табыўға болады. Қудайға өзиңниң алдыңда усындай тапсырма қоятуғыныңды айт ҳəм Оннан жəрдем сора.
4.
Қызғаныш Каин Абылда бар затты қəлегени ҳəм соның ушын инисин өлтирген ўақытта туўылды. Бирақ кейин Каин өмириниң ақырына шекем өзиниң жынаятынан азап шекти. «Себеби сизлер еле де гүнакар тəбиятыңызға бойсынасызлар. Араңызда қызғаншақлық ҳəм тартыслардың болғаны, сизлердиң гүнакар тəбиятыңызға бойсынып, исенбейтуғын адамлар сыяқлы жасап атырғаныңызды көрсетпей ме?» (1 Кор. 3:3). Бизлер қалған өмиримизде өзимизге тийисли емес нəрсеге ийе болыўға қанаатсыз қəлеўимизден азап шегиўди қəлемеймиз. Қызғаныш ушын төлейтуғын қунымыз жүдə жоқары. «Кишипейил жүрек денеге өмир береди, қызғаншақлық болса сүйеклерди ширитеди» (Сул. 14:30). Қудайдың сүйиспеншилиги ҳаққында гүўалық ете алыўың ҳəм оны адамларға көрсете алыўың ушын дуўа ет. «Сүйиспеншилик сабырлы ҳəм мийримли. Сүйиспеншилик қызғанбайды, мақтанбайды, менменлик қылмайды» (1 Кор. 13:4).
5.
Көпшилик мухаддес китаплық қаҳарманларға депрессияның жағдайы таныс болды. «Тахтына ыңқылдап шаршап келемен, түни бойы зар еңиреп жылайман, төсегимди көз жасым менен ҳөллеймен. Усы қайғымнан көзим иседи, көп душпаныма бола əбден ҳəлсирейди» (Заб 6:7–8). «Мазақлағаны жүрегимди күйдирип, ҳəлсизбен бийкарға халықтан аяныш күттим» (Заб 68:21). «Жаныма қайғы батып, шаршағанымда, ўəдеңе сəйкес маған күш бер» (Заб 118:28–29). Бирақ жақсы жаңалық Қудайға бизлерди усындай түсиңки кейпиятта көриў унамайтуғынынан ибарат. Ол Өзиниң қуўанышы бизлерде болыўын ҳəм депрессия руўхын қуўыўды қəлейди. «Қудайым, жалбарыныўымды еситти, дуўамды қабыл етеди Жаратқан Ийе» (Заб 6:10). Қудай бизлерди көтериў ҳəм депрессиядан алып шығыў ушын, бизлердиң Өзине қаратылған жалбарыныўымызды еситиўди қəлейди.
6.
Қудайдан өзиңди түрли қайғыдан азат етиўин жалбарын ҳəм Оннан өзиңди миннетдаршылық, алғыс ҳəм табыныў руўхына толтырыўын сора. Мухаддес Руўхтан жүрегиңнен Қудайдан болмаған ҳəмме нəрсени қуўыўын сора.
7.
Жаман сезимлердиң артында гүман жасырынған. Қудайға толық исенетуғынларда қəўетерлениў ушын себеп бар ма? Оларда ғəзеп, қайғы, қызғаныш, қапашылық ҳəм үмитсизлик ушын тийкар бар ма? Әлбетте, бизлердиң ҳəммемиз кери сезимлердиң тəсирине өмиримиздиң ана яки мына дəўиринде дусласамыз, соның ушын олар пайда болғанда қысыныўдың кереги жоқ. Бирақ олар сени узақ ўақыт бийлеп алмаўы керек. Усы жаман сезимлерден бас тарт ҳəм оларды өмириңе киргизбе. Өзиниң набыт етиўши тəсириниң таралыўына ҳəм нəтийжеде сен ушын Қудайдың таярлап қойғанын бузыўына жол қойма.
Сен Өз сөзиңде, сабырлылық пенен бизлер жанымызды қутқара алатуғынымызды айттың (Лк 21:19-қа қараң). Усылай ислеўим ушын маған сабырлылық бер. Маған «бар күшим менен қəлбимди сақлаўға» жəрдем бер, себеби мен «ол өмир булағы» екенин билемен (Сул 4:23). Сенде жəмлениўге ҳəм Сениң сүйиспеншилигиңди көрсетиўге мүмкиншиликти қолдан бермеўим ушын маған өзимди қəўипсиз сезиўге ҳəм өзимди аўырыў орайын сезбеўиме жəрдем бер. Мийирман болыўыма жəрдем бер ҳəм жүрегимди жибит. Басқалардың ҳəлсизликлерине түсиниўшилик пенен қатнаста болыўға ҳəм өзиме қатаң болыўды үйрет. Мениң уллы қуўанышымның булағы Сениң атанақ ағаштағы исиң. Бул ҳаққында бəрҳа есте тутыўыма маған жəрдем бер.
«Душпаным қуўдалайды, жерге жығып жанымды басады, мени гөрде жатқан өлидей етти, қараңғылықтағы өмирге мəжбүр етти. Кеўлим қайғырып, руўхым түсти, қорқыныштан мениң жаным шықты. Алдыңғы кəраматларыңның ҳəммесин еске алып, ойланаман, қолымның ислерин ақылға саламан. Өзиңе қарай қолларымды жаяман. Кепкен топырақ жаўынды тилейди, жан дүньям да Өзиңе шөллейди. Тез қулақ сал, меннен бетиңди бурма, болмаса гөрге түскендей боламан. Таң атып маған мийримиңди ескерт, өйткени Өзиңе исенемен, көрсет Маған қайсы жолдан жүриўди, Өзиңе бағышлайман дуўамды» (Заб 142:3–8). Қудайым, қайғыда Саған бара алатуғыным, ал Саған барғанымда мени еситип ҳəм жуўап беретуғының ушын Саған миннетдарман (Заб 16:6-қа қараң). Сени билиўден қуўаныш мениң жүрегимди бахыт ҳəм тынышлыққа толтырсын.
«Ҳеш нəрседен тəшиўиш шекпеңлер. Ал ҳəмме нəрсе ушын Қудайға дуўа етип ҳəм жалбарынып, ҳəр бир тилегиңизди Оған шүкирлик пенен билдириңлер. Сонда, ҳəр қандай ақыл-ойдан зыят болған Қудайдың тынышлығы Масих Ийса арқалы кеўиллериңизди ҳəм ой-пикирлериңизди қорғайды»
«Сонда олар қайғыға түскенде, Жаратқан Ийени шақырды, Жаратқан Ийе оларды дəртлеринен қутқарды. Олардың шынжырларын бузып, Қараңғылықтан өлим саясынан шығарды»
«Ҳəй, шаршап, аўыр жүк басқанлар, ҳəммеңиз Маған келиңлер! Мен сизлерди рəҳəтлендиремен»
«Ҳақ адамлар жалбарынғанда, Жаратқан Ийе еситер, Пүткил қайғыларынан оларды қутқарар. Жаратқан Ийе кеўли қабарғанларға жақындур, Руўхый езилгенлерди азат қылар»
«Қудайға исенген адам жаңа күш-қуўатқа ийе болады, бүркиттей қанатларын жайып көтериледи: ағады, бирақ сарқылмайды, жүре береди, бирақ шаршамайды»
ЖИГИРМА БИРИНШИ БАП
Ҳəр сапары, маған түнерген ҳəм жаўынлы күнде самолетта ушыўға туўра келген ўақытта, мен қара тығыз бултлардан өтип, самолет жоқарыға көтерилип қуяш жарқыраған ҳəм таза аспан көгерип атырған жердиң əтирапында көп аралықтағы көринис ашылатуғын жерде болғаным менен мақтанаман. Мен көбинесе ең жаман ҳаўа-райында даўыл ҳəм қуйынның үстинен көтерилип əжайып ҳəм тыныш дүньяға түсиў мүмкиншилиги бар екенин умытаман.
Бизлердиң ишки ҳəм руўхый болмысымыз көбинесе усы көринисти еслетеди. Апат ҳəм қайғы, гүрес ҳəм азаплардың қара бултлары аспанды бизлердиң төбемизге сондай тығыз етип бизлер ҳеш нəрсе көрмейтуғындай етип алып келген ўақытта, қай жерде болса да жоқарыда тынышлық ҳəм парахатшылық патшалық ететуғын, анық ҳəм жарық жер бар екенине онша исенбеймиз. Егер өмирдиң усындай аўыр ўақытларында бизлер Қудайдың қолынан усласақ, Ол бизлерди шараятлардың үстине шығарады, жоқарыға көтереди ҳəм бизлер ушын айрықша таярланған қолайлы, жыллы ҳəм қəўипсиз жерге орыналастырады.
Жубатыўшы — бул мениң ең жақсы көретуғын Мухаддес Руўхтың атларының бири (Юх 14:26). Қуяштан нурды сораўдың кереги болмағанындай, Мухаддес Руўхтан Жубатыўшы ҳаққында өтиниўдиң зəрүрлиги жоқ, өйткени Ол жубаныштың өзи. Бизлерден өзлеримизди Оннан узақластыратуғын ҳəмме нəрседен узақласыў талап етиледи. Бизлер дуўа етиўде аўыр сынақлар дəўиринде Қудай бизлерге Өзиниң уллы жубанышын бериўин сораўымыз керек.
Аўыр дəўирлер ҳəр биримиздиң өмиримизде болады. Аўырыў ҳəм жоғалтыўлар — өмиримиздиң бөлеги. Өмиримизде болатуғын апатлардың көп себеплери бар, бирақ Қудай, егер бизлер Оннан сорасақ, апатты жарылқаўға айландырыўы ушын бəрҳа бизлер менен бирге болады. Егер бизлер қайғылар өмиримизди байыта алатуғынын түсинсек, онда бизлер аўырыўларымызды жеңе аламыз ҳəм сынақлардың арасында исенимимиздиң қалай өсип атырғанын көремиз.
Өмиримизде қыйыншылықлардың пайда болыўының төрт ҳақыйқый себеби
1. Айырым ўақытлары қыйыншылықлар Қудайдың даңқы бизлерге келип ҳәм бизлерде ашылыўы ушын пайда болады. Ийса соқыр болып туўылған адамның қасынан өтип баратырғанда, шəкиртлери Оннан бул адамның соқырлығы өзиниң гүнасының ямаса ата-анасының гүнасының ақыбетинен болған, болмағанын сорады. Ийса: «Бул, адамның өзиниң де, ата-анасының да гүнасы себепли болған жоқ. Қудайдың ислери оның өмиринде көриниўи ушын, ол соқыр болып туўылды» (Юх 9:3), — деп жуўап берди. Бəрҳа өмиримиздеги ана яки мына ўақыяның не ушын болып атырғанын бəрҳа түсинбеймиз. Бəлким, айырым ўақытлары, егер пəлекеттиң гирдабынан сен Қудайды шақырсаң, Оның даңқы саған келеди ҳəм саған ашылады.
2. Қудай қыйыншылықларды сени тазалаў ушын қолланады. Мухаддес Китапта: «Солай етип, Масих денеси менен азап шекти. Сизлер де Масихта болған ойлар менен өзлериңизди азап шегиўге таярлаңлар. Себеби денеси азап шегип атырған адам гүна ислеўди тоқтатады» (1 Пет. 4:1), — деп айтылған. Бул жерден азаплар менен бизлердиң гүнамыз ҳəм өзимизди ойлаўшылығымыз «өртенетуғыны» келип шығады. Қудай бизлерди өзимиз ушын емес, ал Өзи ушын жасаўымыз, өзимиздиң емес, ал Оның еркин орынлаўымыз ушын өмиримизге сынақларды жибереди. Айырым ўақытлары бул қыйын ҳəм жағымлы емес, бирақ Қудай бизлердиң «Оның мухаддеслигинде шерик болыўымызды» қəлейди (Евр. 12:10). Қудайға, бизлердиң денениң қəлеўлеринен қутылып ҳəм өзлеримиз ушын ең əҳмийетлисине, яғный Өзине жабысыўымыз унайды.
3. Қудай бизлерди тәрбиялаў ушын қыйыншылықлардың өмиримизде пайда болыўына жол қояды. «Тəрбиялаў ушын берилген ҳəр бир жаза ўақтында қуўаныш емес, ал қапагершилик алып келеди. Бирақ кейин ала ол усылай тəрбияланған адамларға тынышлық бериўши ҳақлық алып келеди» (Еврей. 12:11). Усындай Қудайдың сабағынан кейин бизлердиң алып келетуғын денемиз, ҳақыйқаттан ол ушын қайғыны бастан өткериўге турады ҳəм бизлер Қудайдың усы жазасына тосқынлық етпеўимиз керек. «Қудайдың Өз улларына сөйлегендей қылып, сизлерге айтқан мына ақыл-нəсиятын умыттыңыз: “Улым, Жаратқан Ийениң тəрбиясына итибарсыз қарама, Ол сени əшкаралағанда, руўхыңды түсирме. Себеби Ол сүйген адамын тəрбиялайды, Улы қылып қабыл еткен ҳəр бир адамын жазалайды» (Евр. 12:5–6).
4. Айырым ўақытлары бизлер душпанның торына түсемиз. Сен бахытсыз болғанда душпан қуўанады, себеби оның мақсети сениң өмириңди набыт етиў, сениң ғəзеп, қайғы, сағыныш сыяқлы жаман сезимлерди бастан өткергениң ушын ол жийи жуўапкер. Бирақ бунда я сениң, я жəне кимниң болса да айыбы жоқ. Сениң жубанышың, егер сен қайғылардың арасында Қудайға алғыс айтсаң, Ол душпанды жоқ қылады ҳəм сениң өмириңди өзиң көз алдыңа келтире алмайтуғындай өзгетиўинде жасырылған. Қудай сениң Өзиниң изинен ериўиңди қəлейди ҳəм сол ўақытта қайғылар дəўиринде Ол сени Өзине толық исениўге үйретеди.
Қайғы бизлерге жақсылығымыз ушын, өзлеримизге қулайтуғын аўырыў, апат, жоғалтыўда ҳəм кеўил қалыўда ақырында пайдалы болатуғынын еситиў ҳеш кимге унамайды. Өзлеримиздиң қайғымызда бизлер бастсан өткерип атырған аўырыўымыз туўралы ойлаўды ҳеш тоқтата алмаймыз. Бирақ бизлерге жəрдем бериўге бəрҳа таяр болған Мухаддес Руўх бар. Мухаддес Китаптың айырым аўдармаларында Ол Жəрдемши деп аталған. Ийса: «Мен Әкемнен сорайман ҳəм Ол сизлер менен мəңги бирге болыўы ушын басқа Жубатыўшыны жибереди. Ол — Ҳақыйқат Руўхы. Дүнья Оны қабыл ете алмайды. Өйткени Оны көрмейди де, танымайды да. Бирақ сизлер Оны билесизлер. Себеби Ол сизлер менен бирге жасайды, Ол ишиңизде болады» (Юх 14:16–17). Бизлер Мухаддес Руўхқа жəрдем ҳəм жубаныш ушын мүрəжат етсек, Ол бизлерге тек жəрдем берип қоймастан, ал бизлерди Өзине жақынластырады. Бизлер «жылап атырғанлар» сыяқлы жарылқанған боламыз, себеби Жубатыўшы бизлерди жубатады (Мт 5:4-қа қараң).
Бир неше жыл алдын көкирек рагинен достым өлген ўақытта мен қайғыға батқан едим. Бизлер мектеп жасынан баслап дос едик ҳəм мен усы жоғалтыўға қалай шыдайтуғынымды көз алдыма келтире алмадым. Ҳəммесинен аўырырағы маған жерлегеннен кейинги биринши күн болды. Мен ашшы ҳақыйқатқа ҳеш көне алмадым ҳəм көз жасларым тынбай ақты. Буннан тысқары, мениң қолымда ғамхорлық етиўим керек болған оның сегиз жасар улы қалды (сол ўақытта менде алты ҳəм сегиз жасар өзимниң еки балам бар еди). Мен Қудайдан өз орнында балаға қайғысын жеңиўге жəрдем бере алыўым ушын, аўырық пенен гүресиўиме жəрдем бериўин сорадым. Қудай қоллаў ҳəм жубаныш ушын мүрəжат еткен ўақтымда ҳəр сапары мениң дуўама жуўап беретуғын еди. Ал буны болса мен ҳəр күни ислейтуғын едим.
Өзиңдеги аўырықтың үстинен көтерилген ўақтыңда ҳəм Қудайдан жарылқаў, тынышлық ҳəм нурға ийе болғаныңда ҳəр сапары сениң исенимиң өседи. Қудай сени қайғы ўақтында жигерлендиреди ҳəм тек жарылқап қоймастан, ал басқаларға қайғысында жубаныш болыўға үйретеди. Егер сен Қудайдың барлығында жасасаң, Оның даңқы сенде ашылады.
Сеннен өтинемен: қайғы ҳəм азап дəўиринде мениң қасымда бол, себеби аўыр ўақытларда ҳəлсизлениўди қəлемеймен, ал күшлирек болыўды қəлеймен. Мен исенимде өсиўди ҳəм гүманларға берилмеўди қəлеймен. Мен сынақлар дəўиринде үмит таслап кетпеўин қəлеймен, қапашылыққа түсиўди қəлемеймен. Мен сезим мени баспаўы ушын Сениң ҳақыйқатыңда беккем турыўды қəлеймен.
Өзимниң жаман хабарлардан қорқпайтуғыныма Саған миннетдарман, өйткени «мениң жүрегим Саған беккем сүйенеди» (Заб 111:7). «Жанымды өлимнен, көзлеримди көз жастан ҳəм аяқларымды сүрнигиўден сақлағаның» ушын Саған миннетдарман (Заб 114:8). Өзимниң Сениң изиңнен үмит пенен ерип жүргеним ҳəм «өлмейтуғыным, бирақ жасап ҳəм Сениң ислериңди уллылайтуғыным» ушын Саған миннетдарман (Заб 117:17). Егер «жаным қайғыдан азапланса да», мен «Өзиңниң сөзиң бойынша мени беккемле» деп сорайман (Заб 118:28-қа қараң).
Ҳəмме нəрсе ушын бəрҳа Саған миннетдаршылық билдириўди умытпаўыма ҳəм Сениң ҳəмме жерде патшалық ететуғыныңды есте тутыўыма жəрдем бер. Бəрҳа мениң гүналарымды жуўғаның ҳəм Саған тийисли екенимди ҳəм мен ушын буннан əҳмийетлирек ҳеш нəрсе жоқ екенин есимде тутайын. Мен билемен: суўлар арқалы барсам, Сен мениң менен боласаң ҳəм дəрья мени жутпайды. Оттың ишинен жүрсем, ол мени күйдирмейди (Ийш 43:1–2-ға қараң). Бул солай, себеби Сен ийгиликлисең ҳəм Сен Өзиңниң Мухаддес Руўхыңды мени жубатыўы ҳəм маған жəрдем бериўи ушын жибердиң. Қудайым, мен Сеннен өтинемен, үмит Қудайы, «Мухаддес Руўхтың күши менен үмитке толытырыўы» ушын (Рим 15:13) мени қуўаныш, тынышлық ҳəм исенимге толтыр. Өзиңниң Мухаддес Руўхыңды мениң Жубатыўшым ҳəм Жəрдемшим болыўға жибергениң ушын Саған миннетдарман. Аўыр ўақытларда бəрҳа маған бул ҳаққында еслет.
«Сүйикли туўысқанларым, сизлерди сынаў ушын келетуғын аўыр азапты таң қаларлық нəрсе деп, ҳайран болмаңлар. Керисинше, Масихтың азапларына шерик болғаныңызға қуўаныңлар. Солай етип, Масих салтанат пенен келгенде, қуўанып шадланасызлар»
«Пүткил мийримниң тийкары болған Қудай сизлерди Ийса Масих арқалы Өзиниң мəңгилик салтанатына шақырды. Қысқа ўақыт азап шеккениңизден соң, Ол сизлерди Өзи жетилистиреди, беккемлейди, күш-қуўат береди ҳəм тыянақлы қылады»
«Үмит байла Жаратқан Ийеге, Күшли ҳəм жигерли бол, Үмит байла Жаратқан Ийеге».
«Руўхый жарлы болғанлар бахытлы! Аспан Патшалығы олардики! Қайғырып жүргенлер бахытлы! Олар жубаныш табады»
«Ҳəзирден баслап мəңгиге дейин, Кириў ҳəм шығыўыңда Жаратқан Ийе қорғайды сени».
ЖИГИРМА ЕКИНШИ БАП
Не ушын ҳəмме нəрседе əўмет оның менен бирге жүретуғын жас адам ҳəммесин жоғалтыўға келисим береди? Мен намаға қəбилетли, сулыў, батыр, бай, айрықша, ҳүрметли, үйленген ҳəм Қудайдың жарылқаўына ийе болған бир адамды билемен. Усының ҳəммесине қосымша ол бир өзи елиниң қəўипли душпанын жеңди. Бирақ буның ҳəммесине қарамастан, ол азғырылыўға түсти ҳəм солай гүнаға батты.
Даўыт патшада бос ўақты жүдə көп болды ҳəм ол болыўы керек болған жерде болмады. Ол өзиниң сарайының төбесинде айланып жүрди ҳəм патша ислеўи керек болғанындай басқа еркеклер менен бирге урыста болыўдың орнына қоңсы жайдың ҳəўлисинде шомылып атырған ҳаялды гүзетти. Оның ең үлкен қəтеси оның азғырылыўға түскени емес, себеби бул ҳəр биримиз бенен болыўы мүмкин, ал ол бурылып, сол жерден қашып кетип ҳəм Қудайға тəўбе етип тез мүрəжат етпегенинде. Даўыт сол жерде турып ҳəм қараўын даўам етти. Ол ойланып, жобалар дүзди. Ол өмирин Қудайға бериўдиң орнына қумарлығына өзин жеңиўге жол қойды. Нəтийжеде ол адам өлтириўши ҳəм неке ҳадаллығын бузыўшы болды ҳəм буның ушын көп адамларды, соның қатарында баласының өлимин бастан өткерип, қалған барлық өмири менен төлем төледи.
Ийса да сол сыяқлы азғырылыўдан қашпады, бирақ Ол дурыс иследи, Даўыт сыяқлы емес. Даўыт денениң шақырығына ерди, ал Ийса ермеди. Ийса Қудайдың сөзинде беккем турды, ал Даўыт ол ҳаққында умытты. Мен узақ өмир жасадым ҳəм өзиниң өмирин қумарлыққа қурбанлыққа алып келген жүдə көплеген еркек ҳəм ҳаялларды көрдим. Түрли азғырылыўлар бизлерге келеди. Көбинесе адамлар жынысый қатнас азғырылыўының торына түседи. Мен талантлы адамлардың өз қəлеўлерине соқыр болып, Қудайдың өзлери ушын таярлап қойған өмири ҳəм сыйларын қалай писент етпегенин көрдим. Олар метеорит сыяқлы түсти ҳəм өртенди, ал бүгин жулдыз сыяқлы жарқырай алатуғын еди. Олар гүналарына тəўбе етип ҳəм жаңарған болыўына қарамастан, алдын өзлеринде болған Қудайдың майлаўын өзине енди қайтара алмады.
Неке ҳадаллығын бузып, адамлар гүнаның қурбанлығына пүткил өмирин қояды. Сонлықтан, егер олар гүнасына өкинсе, олар кешириледи ҳəм шыпаланады, олар егер усы гүнаны ислемегенде алатуғын нəрсесин, енди ҳеш ўақытта ала алмайды. Даўыт кеширилди ҳəм шыпаланды, бирақ ол ең қымбатлысын — улын жоғалтты ҳəм соннан берли оның патшалығы оған сүйкимли ҳəм жақын адамлардың өлимине шекемги апат пенен қайғыланды. Қудай оны алдынғыдай сүйетуғын еди, бирақ исленген гүна бəрҳа ақыбетке ийе. Адамлар денениң қəлеўлерине жол берип көп нəрсени қалай жоғалтатуғынын түсинбейди. Олардың өмириндеги нур, егер денениң шақырығына ермегенде жарқырайтуғыны сыяқлы енди ҳеш ўақытта жарқырамайды.
Алған көп санлы хатларымнан мен қарсы жыныстағы адамға ылайықсыз жынысый қатнас қызығыўшылығы көплеген еркеклер ҳəм ҳаяллар ушын анық машқала болып табылатуғыны ҳаққында билемен. Әдетте елеслерин иске асырыўға жетпейди, бирақ еркек өзиниң əрманларына берилиўин даўам етеди. Бирақ, белгили болғаны сыяқлы, гүналы ойлар да анық ақыбетлерге ийе болыўы мүмкин. Әдетте жынысый қатнас гүнасы: «Бул адам ҳаққында мен өмир бойы əрман еттим ҳəм оның үйленгениниң ҳəм мениң некеде екенимниң əҳмийети жоқ», «Бəлким, бунда жаман нəрсе жоқ шығар, болмаса мен бундай бахытлы болмас едим», «Мен қəлеген нəрсемди аламан», «Ҳеш ким бул ҳаққында билмейди», «Бəлким, бул тəғдир шығар», — деген ойлар менен бирге киреди.
Саған усы патас ойларды исендиретуғын шайтанға өзиңниң Қудайдың жарылқаўларын урланыўына жол қойма. Бизлердиң қандай да еркектиң талантын, əжайып ақылын ямаса ашық сыртқы көринисин жоқары баҳалаўыңның жаман жери жоқ, бирақ егер сен некеде болсаң, өзиң оның тек Қудайдағы туўысқаның екенин есте тут. Егер өзиңде қандай да еркекке ылайықсыз қызығыўшылықты көрсең, усы қəлеўди Қудайдың алдында тез мойынла ҳəм Оннан өзиңди азат етиўин сора. Кейин шайтанға оның жобасын ашқаныңды, сени набыт ете алмайтуғынын ҳəм сеннен Қудайдың мийрасын урлай алмайтуғынын айт. Душпанның усы қорғаны қулаўы ушын керек болса ораза тут ҳəм дуўа ет. «Азғырылмаўыңыз ушын, сергек болып дуўа етиңлер! Руўх қəлейди, бирақ дене ҳəлсиз, — деди» (Мт 26:41). Саған қанша көп берилсе, сениң сыйларыңды урлаў мақсетинде душпан саған ҳүжим етиў ушын сонша белсенди болады. Оның талпынысларына таяр бол ҳəм оларға Қудайдың сөзин билиўиңниң толықлығы менен қарсы шық.
Есте тутыў керек болған азғырылыўлар туўралы алты ҳақыйқат
1.
2.
3.
4.
5.
6.
Азғырылыўға түспестен алдын дуўа етиўди баслаған жақсырақ, себеби ол саған келгенде, оның менен гүресиў аўыр болады. Ийса бизлерге қолланыўымыз мүмкин болған дуўаның үлгисин берди: «Бизлердиң азғырылыўымызға жол қоймай, шайтаннан қутқара гөр. Себеби Патшалық та, қүдирет те, уллылық та мəңгиликке Сеники» (Мт 6:13). Бизлер Ийсаның үлгисине ере аламыз ҳəм Ол сыяқлы душпанды Қудайдың сөзи менен əшкаралай аламыз. Бизлер «…беккем турып, өзлеримизге қайтадан қуллық мойынтырығын салыўға жол қоймаймыз» (Гал. 5:1). Бизлер «Оның Өзи сынаққа түсип, азап шеккенликтен, Ол сынаққа түскенлерге де жəрдем ете алатуғын» Қудайдың аты менен сорай аламыз (Евр. 2:18).
Азғырылыў маған келмейди деп ҳеш ўақытта ойлама. Сен қаншелли үлкейген сайын, сенде шайтанның нышанасы болыўға соншелли көп имканият бар. Көпшилик адамлар азғырылыўды бəрҳа жеңе аламыз деп ойлаўды баслаған ересек жасындағы ўақытын Қудайдан қулайды. Қысқа ўақыт исенетуғын ҳəм азғырылыў дəўиринде түсип кететуғын адам болмаў керек (Лк 8:13-қа қараң). Ийса Өзиниң шəкиртлерин «азғырылыўға түспеўи» ушын дуўа етиўге шақырды. Бул шақырық бизлерге де қаратылған.
Азғырылыў Ийсаға өмириниң ҳəм хызметиниң тиккелей өзгерис ўақтынан бурынтап болды. Саған да ол өмириңдеги уллы жағдайлардан алдын келеди. Усыған таяр бол ҳəм азғырылыў қаншелли күшли болса да, өзиңдеги «Мухаддес Руўх дүньядағы руўхтан уллы» (Юх. 1-х. 4:4) екенин есиңде тут. Сенде душпанды жеңиў ушын күш бар.
Мен бир нəрсени ислеўге ямаса айтыўға ҳүждансызлық қəлеўлерди келтиретуғын сырлы ойлар менде болмаўы ушын дуўа етемен. Мен өмиримде əтираптағылардан жасырып уятсыз ислерди ислей алатуғын сырлы орынлар болмаўын соранаман. Мен қараңғылықтың жемиссиз ислеринде қатнасыўды қəлемеймен. Буның орнына маған шайтанды əшкаралаўға жəрдем бер (Еф. 5:11-қа қараң). Жолларымды туўрыла (Евр. 12:13) ҳəм душпан маған тосаттан ҳəм ҳийлели топылыс ете алыўына жол қойма.
Мен Сениң «тəртипсизлик Қудайы емес, ал тынышлық Қудайы» екениңди билемен (1 Кор. 14:33). Мени түрли тəртипсизлик ҳəм астан-кестенликтен алып өт. Жолымды анық көрип ҳəм Сениң алдыңда гүна ислемеўим ушын жүрегимде Сениң сөзиңди сақлаўыма жəрдем бер (Заб 118:11-қа қараң). Мухаддес Руўхтың күши менен мен гүнаның менде патшалық етиўине ҳəм денениң қəлеўлерине жол қоймайман (Рим. 6:12-қа қараң).
Қудайым, мени еситип ҳəм Сениң жарылқаўларыңнан айырылыўым мүмкин болған барлық азғырылыўлардан қутқаратуғының ушын Саған миннетдарман (Заб 144:18–19-ға қараң). «…жолың менен жүретуғын адамларды қыйыншылықлардан қалай қутқарыўды…» билетуғының ушын Саған миннетдарман (1 Пет. 2:9-қа қараң). Түрли азғырылыўлардан азат етип ҳəм тазалықта сақлап атырғаның ушын Саған миннетдарман.
«Сынаўға шыдаған адам бахытлы! Өйткени ол сынаўдан өткеннен соң, Қудайдың Өзин сүйетуғынларға ўəде еткен өмир тажын алады»
«Сизлердиң басыңызға ҳəмме адамлардың басына түсетуғын сынақлардан басқа сынақлар түскен жоқ. Қудай садық, Ол күшиңизден артық сынақларға түсиўиңизге жол қоймайды. Сынақларға шыдаўыңыз ушын, Ол сынақлар менен бирликте олардан шығыў жолын да береди»
«Минекей, бизлерди қоршаған усындай көп санлы гүўалар топары бар екен. Сонлықтан, бизлер де кесент беретуғын ҳəр бир жүкти ҳəм өзлеримизге тез жабысатуғын гүнаны таслап, Қудай алдымызға қойған жарыста шыдамлылық пенен жуўырайық. Исенимимиздиң тийкарын салыўшы ҳəм оны минсизликке еристириўши Ийсаға көз тигейик. Ол Өзин күтип турған қуўаныш ушын, атанақ ағашта шегелениўдиң шермендешилигин писент етпей өлимге барып, Қудайдың тахтының оң тəрепине отырды»
«Ҳəй, туўысқанларым, түрли сынаўларға ушырағаныңызда, оны үлкен қуўаныш пенен қабыл етиңлер. Себеби исенимиңиздиң сыналыўынан, сабырлық пайда болатуғынын билесизлер. Ҳеш бир кемшиликсиз, жетилискен ҳəм минсиз адамлар болыўыңыз ушын, толық сабырлық етиңлер»
«Сонлықтан, исенимде беккем турман деп есаплайтуғын адам усындай гүналарды ислеўден сақ болсын»
ЖИГИРМА ҮШИНШИ БАП
Еки жыл алдын мен өлиўден сəл қалдым. Избе-из бир неше ай мени қарнымдағы дəрт қыйнады ҳəм мен көплеген емлеў мекемелерине барып шықтым ҳəм көплеген улыўма тəжирийбе ҳəм қəнигелерге бардым, бирақ олардың ҳеш бири маған анық диагноз қоя алмады. Анализлер мениң саў екенимди көрсететуғын еди. Мениң азапларымның себебин ҳеш ким анықлай алмады.
Бир күни түнде, алдын ҳеш қашан бастан өткермеген қорқынышлы нəрсени бастан өткериўиме туўра келди: ишимде бир нəрсе жарылып кеткендей болады, ҳəм мен, егер тез жəрдем бермесе өлетуғынымды түсиндим. Күйеўим емлеўханаға мени түнги 3.30-да алып барды, себеби «тез жəрдем» машинасын бизлер күте алмайтуғын едик. Кейин мен жəрдем сорап ҳəм егер мениң менен ҳеш нəрсе ислемесе өлетуғынымды айтып, бир неше саат даўамында емлеўхананың қабыллаўханасында жаттым. Меннен алдын бир неше мəрте алынған сол анализлер алынды бирақ ҳеш ким мениң менен не болып атырғанын жəне айта алмады.
Күйеўим мен ушын тынбай дуўа етти, ал кейин емлеўханаға сиңлим Сьюзан ҳəм жақын достым Роза келди, олар да мен ушын дуўа етти. Олар, басқа адамлардан да ким болса да биреў себебин анықлап ҳəм маған жəрдем бериўи ушын дуўа етиўди басқа адамлардан да илтимас етти. Менде болса бир дуўа етиў болды: «Ийса, маған жəрдем бер».
Мен Қудайдан: «Мениң өлетуғын ўақтым келди ме?» — деп сорадым. Бирақ, Қудай маған: «Аўа» деп жуўап бергенин сезбес едим. Ол маған Өзинде маған қатнаслы жəне қандай да нийетлери бар екенине түсиник беретуғын еди.
Емлеўханаға барғанымнан сегиз сааттан кейин маған: «Сиз бенен не болғанын ҳəзир айта алмайман, бирақ сизде аппендикс жарылды деп ойлайман. Мен сизди тез операцияға жиберемен. Бəлким, қəтелесип атырған шығарман, бирақ бизлер машқала неде екенин анықлаймыз», — деп батыллық пенен хабарлаған хирургти шақырды.
Ол ҳақ болып шықты. Операциядан кейин хирург: «Бир сааттан кейин сиз уўдың тəсиринен болатуғын комаға түсер едиңиз ҳəм мен сизди қутқара алмас едим», — деп айтты. Мен шыпалаў ҳаққында дуўаларымызға Қудайдың жуўап бергенин, ал сол хирург усы жуўаптың бир бөлеги болғанын түсиндим.
Операциядан кейин бир неше ҳəпте даўамында мен көплеген түтикшелер менен емлеўхана койкасында төсек тартып жаттым ҳəм аўырыўдан қыйналдым, оның менен салыстырғанда туўыў толғағы жағымлырақ көриниўи мүмкин еди. Турақлы морфия инъекциясы да оны толық ала алмады. Бир күни азанда шыпакер келген ўақытта мен оннан қалай бундай болыўы мүмкин деп сорадым.
«Бəлким, мен бир нəрсени басқаша ислеген шығарман? Бəлким, жүдə көп витамин иштим бе? Ямаса жүдə аз? Ямаса керек емесин бе? Дене шынығыўын жетерли ислемедим бе? Ямаса жүдə көп? Мен денсаўлығымды сақлаўға бəрҳа ҳəрекет ететуғын едим. Болған нəрседе мен айыплыман ба?» — деп сорадым.
«Бул жерде сизге ҳеш нəрсе байланыслы емес еди. Бул генетикалық орналасыў», — деп жуўап берди шыпакер.
Ол жəне ҳақ болып шықты. Шаңарағымның көпшилик ағзалары усы аўырыў менен қыйналды, бирақ маған қарағанда, айтарлықтай жас ўақтында. Мен бундай өзим менен болмайды деп ойлайтуғын едим, себеби мен туўысқанларыма аўырыў келген жастан өткен едим. Сол ўақытта мен, ҳəммесин дурыс ислеўге умтылған ҳəрекетлеримизге қарамай, бизлер организмимизге аўырыўдың кириўиниң алдын алыўға күшсиз екенимизди түсиндим. Бизлер өзлеримизге ғамхорлық етиўге миннетли болсақ та, бəри бир Қудайға Шыпалаўшы сыпатында мүтəжбиз.
Машқаланың еки аспекти
Шыпалаў ҳəм денеңе ғамхорлық — ҳəр түрли нəрселер Қудайға шыпаланыў ҳаққында сорап мүрəжат етип, бизлер денемизге қараў — бизлердиң ўазыйпамыз болса да, бул — Оның иси екенин билемиз. Екеўи де бирдей əҳмийетли.
Қудай бизлердиң гүнакар тири жан екенимизди ҳəм минсизликте ҳеш нəрсе ислей алмайтуғынымызды биледи. Соның ушын Ол бизлерге Ийсаны Шыпалаўшымыз сыпатында жиберди. Бирақ усының менен бирге Ол бизлерди Өзиниң жаратылысының ҳəммесиниң, соның қатарында денемиздиң ылайықлы басшысы болыўға шақырды. Ол бизлердиң саламат өмир образын сүриўимизди, денемизге ғамхор болыўымызды ҳəм өзимизге-өзимиз зыян келтирмеўимизди қəлейди. Оған денемизге дурыс ғамхорлық етип Оны алғыслаўымыз унайды, өйткени ол Мухаддес Руўхтың ибадатханасы болып табылады.
Бизлердиң көпшилигимиз: «Мендги ҳəмме бар нəрсе, Қудайға тийисли, азықланыўым ҳəм физикалық күшимнен басқасы, Қудайға тийисли. Бул мениң ыхтыярыма қалдырылған», — деп пикирлейди. Ямаса: «Мениң өмирим Қудайға тийисли, ал денем болса маған тийисли ҳəм мен оның менен қəлегенимди ислей аламан». Бирақ, егер бизлер Қудайға тийисли болсақ, онда бизлердиң денемиз де ҳəм қалған ҳəммеси де Оған тийисли. Дене ҳаққында ғамхорлық — Қудайдан бөлек, ғəрезсиз өмиримиздиң тараўы емес.
Бул исте дурыс тийкар үлкен роль ойнайды, яғный, бизлердиң өзимизди жас ҳəм сулыў етип сақлаўға талпынысымызды басқарады. Өмиримиздиң əўмети көбинесе бизлердиң өз мотивимизге байланыслы. Егер сулыў кийимде жақсы көриниў ушын бизлер дурыс аўқатланып ҳəм дене шынығыўын ислесек, онда жас өткен сайын бул мотив бизлер ушын өзиниң актуальлығын жоғалтады. Бирақ, егер бизлер ҳəрекетшең, саў ҳəм Қудайдың толық баҳалы хызметкери болыўымыз ушын дурыс аўқатланыўға ҳəм спорт пенен шуғылланыўға ҳəрекет етсек, онда бизлердиң жүрис-турысымыздың ақыбети мəңгиликте ширимейтуғын болады ҳəм бизлер ендигиден былай өзимизди бəрҳа жақсы формада услай аламыз.
Мен адамлардың: «Мен денемниң жағдайы ҳаққында қəўетерленбеймен, себеби Қудай аўырған ўақтымда мени шыпалайды», — деп айтқанларын жийи еситемен. Бундай ойлаў қəўипли ҳəм бул кеўилсизликлерге алып келиўи мүмкин. Шайтан бизлерге мүмкин болғанынша күшлирек зыян келтириўди қəлейди, ал бизлер өзимизге усындай қатнас пенен тек оған жəрдем беремиз. Денемизге ылайықлы образда ғамхорлық етпей, бизлер денсаўлығымызды бузамыз. Қудайдан өзиңе зыян келтиретуғын ҳəмме нəрседен азат етиўине ҳəм пайда келтиретуғын ҳəмме нəрсени тəртипли орынлаўға жəрдем бериўин сора.
Шыпалаўшыға қол тийгиз
Барлық күш салыўымызға қарамастан, бизлер айырым ўақытлары аўырамыз. Ҳəммесин дурыс ислеў мүмкин, бирақ бизлер өзимизди аўыр кеселден қəўипсизлендире алмаймыз. Айырым ўақытлары бизлер ата-анамыздан белгиленген кеселликке бейимлиликти мийрас етемиз. Бизлер қорқынышлы кеселликтиң қурбаны екенимизди билмей аўырыўымыз мүмкин. Бизлерге бахытсыз ҳəдийселер болыўы мүмкин. Қудай бул ҳаққында биледи ҳəм соның ушын бизлерге Ийсаны — бизлердиң Шыпалаўшымызды жиберди. Оның шыпалаўшы қол тийгизиўи Қудайдың мийриминиң гүўалығы болып табылады.
Мухаддес Китап Ийсаға қол тийгизген адамлардың шыпаланғаны ҳаққында гүрриң етеди. «Ол қай жерге келмесин: аўылларға ма, қалаларға ма, елатларға ма, адамлар аўырыўларды базар майданларына алып келди. Олар Ийсадан ҳеш болмаса кийиминиң шетине ғана қол тийгизиўге рухсат сорады. Қол тийгизгенлердиң ҳəммеси шыпа тапты» (Мк 6:56). Шыпаланыў ушын бизлер де Оған қол тийгизиўимиз керек, ал бул — Оның барлығына кириўди билдиреди. Қудайдан өзиңди шыпалаўын сора ҳəм буны Өзине унайтуғындай ҳəм Өзи белгилеген ўақытта ислейтуғынына исен. Денеңе ғамхорлық етип атырғаныңда Қудай менен бирге бол, себеби сен — Оның буйрықларын тек орынлаўшысаң, ал Ол — Шыпалаўшы.
Маған не жақсы, не жаман екенин тек Сен билесең ҳəм мен буны маған ашыўыңды соранаман. Меннен түрли астан-кестен ҳəм жеткиликсиз мағлыўматты алып тасла ҳəм мени дурыс аўқатланыўға ҳəм өзиме зыян келтире алатуғын азықты қабыл етпеўиме жəрдем бер. Қудайым, мен буны Сенсиз ислей алмайман, өйткени тек Сен мени Өзиңниң жаратылысың сыпатында билесең. Өзимди бəрҳа жақсы формада услаўыма жəрдем бер. Денемди «бағындырып ҳəм өзимди тыйыўыма» жəрдем бер (1 Кор. 9:17-қа қараң).
Қудайым, сен Өз сөзиңде: «Көринистиң жетиспеўшилигинен халқым жоқ қылынады…» (Ос 4:6), — деп айттың. Мен нениң дурыс екенин билиўдиң жетиспеўшилигинен набыт болыўды қəлемеймен. Мени оқыўға үйрет ҳəм даўамлаўға жəрдем бер. Мени дурыс мəслəҳəт беретуғын адамларға алып бар; Сениң буйрықларыңа ериўге ҳəм Сен орнатқан қағыйдаларды орынлаўға жəрдем бер. Аўырыў ўақтында ҳəм шыпакерге мүрəжат етиў зəрүр болғанда мен ушын шыпакерди таўып бер ҳəм оған мениң аўырыўымды шыпалаў усылын таңлағанда даналық бер.
Ҳəммесинен көбирек мени… (денсаўлық пенен байланыслы машқаланы ата) тəшиўишлендиреди. Қудайым, усы қайғыда мениң қасымда бол ҳəм Өзиңниң еркиңди орынла. Маған усы анық жағдайда еркинлик ҳəм шыпаланыў алыўға жəрдем бер.
Қудайым, мен Сени өзимниң ислерим менен алғыслаўды қəлеймен. Маған берген денеңе ақыл менен қатнаста болыўыма жəрдем бер. Мен оның минсиз емеслигин ҳүким еткеним ҳəм критикалағаным ушын кеширим сорайман. Мен буған өкинемен. Мен денемниң өзимде жасап атырған Мухаддес Руўхтың ибадатханасы екенин билемен. Усы ҳақыйқатты беккем есимде тутыўыма ҳəм өзимниң ибадатханамды бəрҳа тазалықта ҳəм саламатлықта сақлаўыма жəрдем бер. Денеме дурыс қатнаста болыўды ҳəм оған дурыс ғамхорлық етиўди үйрет.
«Араңызда аўырыў адам бар ма? Ол исениўшилер жəмəəтиниң ақсақалларын шақырсын. Олар Ийемиз Ийсаның аты менен оны май менен сылап, ол ушын дуўа етсин. Исеним менен етилген дуўа аўырыўға шыпа береди ҳəм Ийемиз оны аяққа турғызады. Егер ол гүна ислеген болса, гүнасы кешириледи. Солай етип, шыпа табыўыңыз ушын, бир-бириңиздиң алдыңызда гүналарыңызды мойынлаңлар ҳəм бир-бириңиз ушын дуўа етиңлер. Ҳақ адамның дуўасы жүдə күшли тəсирге ийе»
«Маған шыпа бер Жаратқан Ийе, Сонда мен шыпа табарман, Мени қутқар ҳəм мен қутқарыламан, Себеби алғыслайтуғын тек Сенсең»
«Жаратқан Ийе былай деди: Бирақ Мен сениң ден — саўлығыңды тиклеймен, Жараларыңа шыпа беремен. Себеби былай деп айтылып атыр: Сион ўаз кешилген, оны излеп атырған ҳеш ким жоқ»
«Солай етип, жесеңиз де, ишсеңиз де, не нəрсени ислесеңиз де, ҳəмме нəрсени Қудайдың даңққа бөлениўи ушын ислеңлер»
«Бизлер ишинде жасап атырған дүньядағы бул шатырымыз, яғный денемиз қыйралғанда, Қудай бизлерге адамның қолы менен қурылмаған аспандағы мəңгилик үйимизди, яғный жаңа денени беретуғынын билемиз»
ЖИГИРМА ТӨРТИНШИ БАП
Бир неше жыл мен моншаны тыныш қабыллай алмайтуғын едим, себеби Психоз атлы фильмдеги қорқынышлы сахналар бəрҳа мени гүзететуғын еди. Мен бул фильмди жаслығымда көрген едим ҳəм соннан берли моншада шомылыўға қорқатуғын едим. Тек Қудайға исенген ҳəм бир масихый усы қорқыныштан мениң азат болыўым ушын дуўа еткенинен кейин мен ақыр-ақыбет өзимди бос тутып, көзимди жумып ҳəм суўдың ағысының тийиўинен рəҳəтлене алдым.
Буннан басқа, мен өлим, ашлық, əўметсизлик, авиа ушыўлардан, бахытсыз ҳəдийселер, ийнелер, пышақлар, жоғалып кетиўден, тасланды болыўдан, аўырып қалыўдан, жарақат алыўдан, қараңғылықтан, белгисизликтен, адамның пикиринен ҳəм жалғызлықтан қорқатуғын едим. Бирақ, усы барлық қорқынышлардан Қудай мени азат етти. Айырымларынан қутылыў ушын мен бөлек дуўа еттим, ал айырымлары мен Қудайдың еркин орынлап ҳəм Оның сүйиспеншилигинде болғанымда өзлери жоқ болды.
Қудай бизлердиң қорқынышта жасаўымызды қəлемейди, өйткени қорқыныш ҳеш ўақытта Оннан келмейди. Дүнья қорқынышты ислеп шығарады: бизлердиң кинода көргенимиз, газета ҳəм журналларда оқығанымыз бизлерди қорқытады. Сондай-ақ, адамлардың сөзлери ҳəм ислери де бизлерге қорқыныш келтиреди. Душпан бизлерди не менен болса да, сондай-ақ келешегимиз бенен де қорқыта алады. Бизлер қорқатуғын бахытсызлығымыз ҳақыйқаттан болыўынан қəўетерленемиз. Бирақ қорқыныш бизлердиң үстимизде усындай бийликке ийе болмаўы керек.
Өтирик қорқыныш
Адамда болыўы керек болған тек бир қорқыныш бар — Қудайдан қорқыў. Басқа қалған қорқынышлар — өтирик. Бизлер Қудайдың алдында ҳүрметли қорқынышта жасаўымыз ҳəм азап алып келетуғын басқа қорқынышқа берилмеўимиз ушын дуўа етиўимиз керек. Өтирик қорқыныштың ең көп таралған түрлериниң бири адамның алдында қорқыныш, бас тартылған адам болыўдан қорқыў болып табылады. Бул қақпанға бизлер көбинесе билмей түсемиз. Бул ҳаққында басқа биреў емес ал Қудайдың не айтатуғынын көбинесе еске алыўымыз керек. Бизлер мойынлаў ҳəм қоллаў ушын адамларға емес, ал Қудайға мүрəжат етиўимиз керек. Егер бизлердиң жүрегимизде Қудай биринши орында турмаса, бизлер адамлардан бəрҳа қорқатуғын боламыз. «Адамнан қорқыў дозаққа алып барады, Ийемизге үмит еткен қəўип-қəтерден узақта болады» (Сул. 29:25).
Дүньяда қорқыныш ушын жүдə көп себеп бар. Айырым ўақытлары жанымызды қорқынышқа толтырыў ушын бизлерге жаңалықлар бағдарламасы жетерли болады. Бизлердиң елеслеримиз де бизлерди қорқыта алады. Бирақ Қудай бизлерди түрли қорқыныштан азат етиўди қəлейди.
Өтирик қорқыныштан азат болыўдың төрт дурыс усылы
1. Дуўа етиў. Мухаддес Китапта бизлердиң қорқынышымыздың себеби бизлердиң сүйиспеншиликте минсиз емеслигимиз айтылған. «Сүйиспеншиликте қорқыў жоқ. Керисинше, минсиз сүйиспеншилик қорқыўды қуўып шығарады. Себеби қорқыў жаза менен байланыслы болады. Қорқатуғын адам сүйиспеншиликте минсизликке ериспеген» (1 Юх. 4:18). Тек Қудайдың сүйиспеншилигин минсиз деп атаўға болады. Оның сүйиспеншилигинде, егер Оған мүмкин болғанынша жақын болып ҳəм Оның сүйиспеншилигине толсақ ғана минсизлениўге болады. Егер сен усылай ислесең, Қудай сени барлық қорқынышлардан азат етеди.
2. Ойларыңды қадағалаў. Дүньяда болып атырған ўақыялар ҳаққында жаңалықлар бизлерге жийи қорқыныш келтиреди. Сен дүньядан қандай мағлыўматты қабыл етесең? Бəлким, усы мағлыўматтың қандай да бөлеги сени қорқытатуғын шығар? Буны өзгертиўге бола ма? Сен қорқынышлы фильмлер киносына барасаң ба ямаса көк экраннан «қорқынышларды» көресең бе? Егер солай болса, онда буның орнына Қудайдың сөзин оқы. Егер жаңалықлар бағдарламасы сени қорқытса, онда я оларды көрме, я усы айтылатуғын адамлар ушын дуўа ет. Қудайға жақынластыратуғын ҳəмме нəрсени исле (мысалы, сыйыныў гимнин еситиўге ямаса алғыс қосығын айтыўға болады). Қудайдың барлығында барлық қорқыныш жоқ болады.
3. Қудайдың сөзинде болыў. Көп мəрте, маған қорқынышлы болған ўақытта Мухаддес Китапты оқый баслағанымда барлық қорқыныш мени таслап кеткен еди. Қорқынышымыз туўралы Қудайдың не айтатуғынын еситкен ўақытта ҳəммеси өзгереди. Ал, Қудайдың сөзин жəриялаў — қəлеген қорқынышқа қарсы күшли қурал. Дəл қорқыныш ҳаққында оқыў ямаса мухаддес китаплық аятларды айтыў зəрүр емес, өйткени қəлеген мухаддес китаплық текст қорқынышты қуўады, себеби Қудайдың Руўхы Мухаддес Жазыўдың ҳəр бир бетинде бар.
4. Қудайдың қорқынышында жасаў. Қудайды қаншелли көп билсең, Оның минезин соншелли көп түсинесең, Оның алдында иззетлениўди ҳəм Оны ҳүрмет етиўди көбирек қəлейсең ҳəм Оның наразылығын келтириўден соншелли көбирек қорқыўды баслайсаң. Бул сезим Қудайдан қорқыў деп аталады, дəл ол сени Қудайға бойсыныўға үйретеди. Усы Қудайлық қорқыныш сенде Қудайға жақынласыў қəлеўин оятады. Қудайдың алдында қорқынышқа ийе болып, сен өзиңди алдын қорқытқан ҳəмме нəрсени умытасаң, өйткени Оның уллылығы менен салыстырғанда ҳəммеси бузылады. Егер сенде Қудайдың қорқынышы жасап атырған болса, сен тек бир нəрседен — Қудайдың жарылқаўынан айырылыўдан қорқасаң ҳəм өмириңди Қудайсыз қорқыныш пенен көз алдыңа келтиресең.
Қудайдан қорқыў
Нухтың өмири — Қудайдың қорқынышын бастан өткерген адамның өмириниң анық мысалы. Суў тасқынынан алдын кеме қурыўға оны оятқан жалғыз мотив онда жасаған Қудайдан қорқыўы болды. «Исеними себепли, Нух еле болмаған нəрселер туўралы Қудай тəрепинен ескертилгенде, Қудайдан қорқып, шаңарағының қутқарылыўы ушын, кеме соқты. Ол бул арқалы дүньяны ҳүким етти ҳəм исеними себепли ақланыўға еристи» (Евр 11:7). Нух кеме соғып атырғанда адамлар оның үстинен күлди, бирақ ол өзиниң Қудайға деген исениминде беккем болды. Ол адамлардың емес, ал Қудайдың пикирине қулақ салды. Нəтийжеде ол қутқарылды. Есиңде сақла: «…Қудайдан қорқ ҳəм Оның ўəсиятларын орынла, себеби бунда адам ушын ҳəмме нəрсе…» (Ўаз 12:13). Бунда сениң де қутқарылыўың бар.
Қудайдан қорқып жасаўға болатуғын алты жарылқаў
1. Қудайдың ғамхорлығының жарылқаўы. «Жаратқан Ийени қəдирлеңлер, Оның минсизлери! Оны қəдирлейтуғынларды жоқшылық қыйнамайды» (Заб 33:10).
2. Қудайдың қорғаўының жарылқаўы. «Ийемизден қорқыў өмирге алып барады, адам молшылықта жасап тəшиўишке түспейди» (Сул. 19:23).
3. Қудайдың мийриминиң жарылқаўы. «Аспан жерден қанша жоқары болса, Жаратқан Ийениң Өзин сыйлағанларға жаўдыратуғын мийрими сонша мол» (Заб 102:11).
4. Қудайдың қайырхомлығының жарылқаўы. «Жаратқан Ийем, қандай мол Сениң ийгилигиң: Өзиңди қəдирлеп, паналайтуғынлар ушын, соны сақлап, халықтың алдында сыйлайсаң» (Заб 30:20).
5. Қудайдың сақыйлығының жарылқаўы. «Кемтарлық ҳəм Ийемизден қорқыў байлық, ҳүрмет ҳəм өмир алып келеди» (Сул. 22:4)
6. Қудайдың жәрдеминиң жарылқаўы.
7. Қудайдың жақлаўының жарылқаўы. «Мəңгилик сүйиспеншилик себепли гүна кешириледи, Ийемизден қорқыў жаманлықтан узақластырады» (Сул. 16:6).
Қудайда сырлар бар. Бул Ол сеннен бир нəрсе жасырып атырғанын билдирмейди. Ол сениң Оны излеўиңди, Оған жақынласыўыңды ҳəм сырларын өзиң ашыўыңды қəлейди. «Ийемиз Өзинен қорқатуғынларға сырын ашады ҳəм келисимин билдиреди» (Заб 24:14). Оған бойсыныўшы болыўың, Оның менен сөйлесиўиң, Оның ҳəм сениң араңыздағы қатнас Оған саған Өзин Өзи бериўине ҳəм егер Оның Өзи саған ашпағанда саған еле қол жетпес болып қалатуғын таза ҳəм белгисиз нəрсени ашыўына жол бериўиң унайды. Егер сен Қудайға жақын болсаң ҳəм тынышлықта ҳəм рəҳəтте Оны тыңласаң, бир күни Ол сениң менен əсте сөйлеседи, буннан кейин сениң пүтил өмириң өзгереди. Сол ўақытта барлық қорқынышларың жоқ болады. Қудайдан бүгин сениң менен сөйлесиўин сора.
Мениң ойымды ҳəм жүрегимди қорқыныш руўхынан қорға. Бүгин мен… (қорқатуғын нəрсеңди ата) алдында қорқыныш сеземен. Мениң қорқынышымды ал ҳəм орнына маған Өзиңниң минсиз сүйиспеншилигиңди бер. Егер менде қорқынышты туўдыратуғын ойлар болса, оларды маған аш. Егер мен Сеннен узақлассам ҳəм өзиме жəмлеcсем, тоқтаўыма жəрдем бер ҳəм өзимде емес, ал Сенде жəмлениўиме маған күш бер. Маған қашан қорқынышқа өзимди бийлеўге жол бергенимди көрсет ҳəм оннан қутылыўыма жəрдем бер. Мени адамлар қабылламай таслайынан қорқыўдан азат ет ҳəм буның орнына маған Сениң алдыңда қорқыўды бер.
Сениң сөзиңде, Өзиңниң қорқынышыңды Өзиңниң адамларыңның жүрегине салатуғының ҳəм оларға ҳүрмет көрсетиўди тоқтатпайтуғының айтылған (Ер 32:40-қа қараң). Дəл соны мен ушын ислеўиңди Сеннен өтинемен. Сен маған қорқыныш руўхын бермегениңди мен билемен, соның ушын мен оннан бас тартаман ҳəм Сеннен оның орнына маған Өзиңниң сүйиспеншилигиңди, анық ақыл, яғный, мен ушын таярлап қойған ҳəмме нəрсени бериўиңди соранаман. «Ийем, Сениң ийгилигиң қандай мол, Өзиңди қəдирлеп, паналайтуғынлар ушын соны сақлап, халықтың алдында бересең» (Заб 30:20). «Солай етип, бизлер силкинбес патшалыққа ерискенимиз ушын шүкирлик билдирип, Қудайға унамлы түрде, Оған ҳүрмет ҳəм қорқыныш пенен сыйынайық» (Евр. 12:28).
Саған миннетдарман, себеби Сен маған, «Ийемизден қорқыў өмирге алып барады, адам молшылықта жасап тəшиўишке түспейтуғыны» ҳаққындағы ҳақыйқатты аштың (Сул. 19:23). Жүрегимди Саған унаўым ҳəм шайтанның жобаларын буза алыўым ушын Сениң атыңнан қорқыўда тастыйықла. Өзиңнен қорққан ҳəр ким ҳеш қашан, ҳеш нəрсеге мүтəж болмайтуғыны ушын Саған миннетдарман.
«Өйткени Қудай бизлерге қорқақлық руўхын емес, ал күш, сүйиспеншилик ҳəм салдамлылық руўхын берди»
«Сүйиспеншиликте қорқыў жоқ. Керисинше, минсиз сүйиспеншилик қорқыўды қуўып шығарады. Себеби қорқыў жаза менен байланыслы болады. Қорқатуғын адам сүйиспеншиликте минсизликке ериспеген»
«О, Жаратқан Ийе жолыңды үйрет маған, Сениң ҳақыйқатың менен жүрейин, Мениң жүрегимди беккемле ҳəм жалғыз Сениң атыңнан қорқайын»
«Сонда олар Мени шақырады, Бирақ Мен жуўап бермеймен, Олар Мени излейди, Бирақ таба алмайды Себеби жек көрди олар билимди, Қорқыўдан бас тартты Жаратқан Ийеден»
«Даналыққа қулақ салсаң, Жүрегиңди түсиниўшиликке бурсаң, Егер билимди шақырып, Ақылды даўыслап сорасаң, Гүмис сыяқлы етип оны излесең, Жасырылған ғəзийне киби излесең, Онда Жаратқан Ийеден қорқыўды түсинип, Қудайды жақыннан таныйсаң»
ЖИГИРМА БЕСИНШИ БАП
Дуўа еткен ҳаялдың күши атлы китаптың үстинде ислеген сол айлар даўамында мен Мухаддес Руўхтың мени алдын ҳеш ўақытта ислемеген дуўа етиўге алып барғанын сездим. Мен Қудайдан китапты жазыўда бəрҳа жəрдем сорадым, бирақ бул сапары Мухаддес Руўх усы китаптың көплеген адамлардың жүрегин қорғаўы ушын дуўа етиўге анық оятты. Буннан алдын мен үш китап жаздым, бирақ бул ҳаққында дуўа етиў қəлеўин бир мəрте де сезбеген едим. Мен ағзалары мени толық қоллаған дуўа етиў топары менен сезимлеримди бөлисетуғын едим ҳəм бизлер ҳəммемиз бирге усы китаптың Қудайдың жəрдеми менен жердиң барлық шетине жетиўи ҳəм түрли тиллерге аўдарылыўы ушын дуўа етиўди басладық. Усындай уллы ис ҳаққында дуўа етиў батырлығын өзиме алып атырғаныма өзим исенбеген едим, бирақ мен дəл усындай дуўа Қудайға унамлы екенин сездим. Бизлер бул ҳаққында китаптың дүньяға шығыўынан кейин ҳəр ҳəптеде дуўа еттик.
Кейинги жети жыл даўамында пүткил дүнья бойынша түрли елдиң баспаханашылары маған өз мəмлекетиниң тилине аўдарыўға ҳəм оны шығарыўға рухсат сорап мүрəжат етти. Тез арада мен китабымның нусқаларының француз, немец, португал, голланд, венгер, корейс, испан, япон, ҳинд, индонезия ҳəм африка тиллеринде алыўды басладым. Ҳəр сапары мениң жүрегим Қудайдың дуўама усындай əжайып түрде жуўап бергени себепли қуўаныштан ҳəўлиретуғын еди.
Бир күни китабымның нусқасын қытай тилинде алып, мен жылап жибердим, себеби мен əрман ете алмайтуғын күтилмеген нəрсе болды. Мен алдын ҳеш ўақытта көрмеген қəдирли қытай ҳаяллары ҳаққында ойладым ҳəм олардың китабымды қалай оқып атырғанын өзимниң көз алдыма келтирдим. Әлбетте, мен физикалық пүткил дүньяға барып ҳəм өзимниң оқырманларым менен ушыраса алмайтуғын едим. Қытайға мен бара алмайтуғын едим — ҳəм ҳеш қашан бара алмайтуғын да шығарман — бирақ маған Қудайдан берилген сөз сол жерде болды. Бул адамлар ҳеш ўақытта мениң менен жеке ушыраспайды, бирақ олар Қудайды жақсырақ биледи.
Дуўа етиўге қандай əжайып жуўап! Мениң досларым ҳəм мен көп мəрте усы дуўаны биринши мəрте Қудайға айтқан биринши күнимизди еске алатуғын едик. Енди бизлер оған жуўап ретинде Қудайдың ислегенине қуўандық. Соннан берли ислеп атырған барлық китапларым туўралы мен: «Қудайым, усы китап арқалы Сениң ҳақыйқатың дүнья бойынша ҳəмме адамларға көринетуғындай исле», — деп дуўа етемен. Сен де усындай дуўа менен дуўа ете аласаң ҳəм Қудай басқа адамлардың жүрегин қорғаў ушын сениң талантларыңды ҳəм қəбилетлериңди қолланады. Егер сен басқа адамлар менен Қудайдың өзиңди сыйлағанын бөлисиўди қəлесең, Ол саған бунда əлбетте жəрдем береди.
Қудайға ҳəм адамларға бар нəрсеңди бериўди билиў өмиримиздиң соншелли əҳмийетли бөлегин қурағанлықтан, ол болмаса бизлер қəлеген мақсетимизге ҳеш ўақытта жетпеймиз. Буны билмесек бизлердиң алдымызда Қудайдың алдымызға қойған сол уллы мақсетлери ҳеш ўақытта ашылмайды. Биреўди үйренбестен, бизлер жеккелигимиздиң мақсетлилигин ҳəм толықлығын ҳеш ўақытта сезбеймиз ҳəм тынышлыққа ийе болмаймыз. Өзлериңизге Қудайдан бағытланған жарылқаўлар ағысы бизлер арқалы ағыўы керек. Бизлер адамларға ҳəм Қудайға өзимизде барын берген ўақтымызда, бизлерде Өзиниң жарылқаўлары менен Қудай толтыратуғын бослық пайда болады. Усы ағысты тосып, бизлер өзимизде өмирдиң ағысын тосамыз. Бизлердиң ўазыйпамыз — Қудай бизлерди бериўге үйретиўи ҳəм буның ушын бизлерге күш бериўи ушын дуўа етиў.
Дуўа етиў сыйы
Көпшилик адамлар маған китапларымның оларға шаңарағын сақлаўға, балаларын ямаса өз-өзин қутқарыўға жəрдем бергени ҳаққында жазды. Олар меннен не менен миннетдаршылық билдире алатуғынын сорайтуғын еди ҳəм мен бəрҳа бирдей: «Сизлердиң мен ушын ислей алатуғын ең əжайып нəрсе — бул мен ушын дуўа етиў. Мениң мийнетимниң əўмети, денсаўлығым, шаңарағым ҳəм некем ҳаққында дуўа етиң. Адамларды Қудайға алып келе алатуғын басқа китапларды жаза алыўым ушын, Ол олардың өмирин өзгертиўи ушын дуўа етиң», — деп жуўап беретуғын едим. Мен ушын биреўдиң дуўасынан баҳалырақ саўға жоқ. Емлеўханада мыңлаған адамлардың дуўасы мениң өмиримди қутқарғанына исенемен. Егер сен олардың бири болсаң, мен саған шексиз миннетдаршылығымды билдиремен. Мен сизлердиң дуўаларыңызды сездим ҳəм олардың арқасында бүгин мен жасап атырман.
Дуўа етиў — бизлердиң басқалар менен бөлисе алатуғын уллы сыйымыз. Әлбетте, егер биреў аўқатқа, кийимге ҳəм баспанаға мүтəж болса, бизлер жəрдем бериўге миннетлимиз, бирақ усының менен бизлер усы адамлар ушын дуўа етиўди менсинбеўимиз керек емес. Материаллық жарылқаўлар ўақытша, ал бизлердиң адамлар ушын дуўаларымыз олардың өмирин өзгерте алады.
Егер басқа адамлар ушын өтиниўди үйренбесек, бизлер Қудайдың мийрасын ҳеш ўақытта алмаймыз. Бунда бизлердиң улыўма шаңарағымыздың əҳмийетли бөлеги қуралған, себеби бизлердиң ҳəммемиз бир-биримизге өтиниў ушын шақырылғанбыз. Бизлердиң бир-биримиз ушын дуўа етиўге жанымызды қойыўға таяр болыўымыз Қудайға унамлы.
2001-жылы 11-сентябрде сол ўақытта Нью-Йорк, Пенсильвания ҳəм Вашингтонда болған адамлар ушын өтиниў дуўасы бирден шыға баслады. Кейин Қурама Штатлардың барлық жеринен адамлар жəбир көргенлерге жəрдем бериў ушын Нью-Йоркке барды. Олар қан бериў ушын дизимде турды, олар жақынларын жоғалтқан шаңарақларға ақша қурбанлық етти. Ҳəммеси қолынан келгенин иследи, бирақ буның бəрине алды менен дуўа етиў болып өтти. «Перзентлерим, тек сөз ямаса тил менен емес, ал ис ҳəм ҳақыйқатлық пенен сүйейик» (1 Юх 3:18). Егер сен Қудайды сүйсең, сен адамларды сүйесең ҳəм усы сүйиспеншилик сени оларға жəрдем бериў ушын ҳəмме нəрсени ислеўге оятады.
Бергенимиз Қудайға унайды. Ол: егер бизлер басқаларға жəрдем бермесек, Оны сүймейтуғынымызды, айтты. «Ким де ким дүнья-малға бай бола тура, туўысқанының жоқшылықта жасап атырғанын көрсе де тас баўырлық етсе, қалайынша ондай адамда Қудайдың сүйиспеншилиги болады?» (1 Юх 3:17). «Ҳəр бир адам өзиниң емес, ал басқалардың пайдасын гөзлесин» (1 Кор. 10:24). Қудайдан басқа адамлардың жүреклерин қозғаў хызметине жəрдем бериўин сорап баслаған ўақтыңда саған үлкен жарылқаўлар төгиледи.
мүтəжликлерин көре алыўым ушын мениң көзлеримди аш. Маған жоқшылықтағылар менен бөлисиўге таяр жүректи бер. Сениң жарылқаўларыңды ақыл менен ислетиўди үйрет: оларды басқалар менен бөлисиўге қəлеў бер. Ҳəзир жəрдем қолын кимге созыўым кереклигин көрсет. Мени барлық адамларға деген сүйиспеншиликке толтыр ҳəм оны анық ҳəм белгили түрде көрсетиўге үйрет. Өзимниң Саған хызметим ушын адамлардың жүреклерин қозғалта алайын.
Бериўим керек нəрсени Саған бериўди үйрет. Мен ҳақыйқатында Саған тийисли болған нəрседен Сени айырыўды қəлемеймен. Қудайым, мен байлығым қай жерде болса, жүрегим сол жерде болатуғынын билемен (Мт 6:21-қа қараң). Мениң уллы байлығым бəрҳа Саған хызметим болсын.
Қудайым, басқаларға жарылқаў болыў ушын бүгин не ислеўим кереклигин маған көрсет. Атап айтқанда, шаңарағыма, ибадатханама, досларыма ҳəм өмириме алып келетуғын адамларға не менен хызмет ете алатуғынымды көрсет. Мен өзимниң тəшиўишлериме көмилип ҳəм басқаларға Сениң нурыңды алып барыў мүмкиншилигин көрмей қалыўды қəлемеймен. Сениң еркиңе сəйкес не ислеўим кереклигин көрсет ҳəм усылай ислеўиме күш бер. Басқа адамларға Сениң сүйиспеншилигиңди көрсете алыўым, оларға жəрдем бериўиме, жигерлендириўиме, оларға үмит бериўиме керекли нəрсени бер. Мени Өзиңниң өтиниўшилериңниң бири қыл ҳəм үлкен исеним менен дуўа етиўди үйрет. Дүньяда əҳмийетли өзгерислерди ислеўиме жəрдем бер. Себеби Сен, мениң өмиримде ҳəрекет етип, басқа адамлардың тəғдирин Өзиңниң даңқың ушын өзгертесең.
«Ҳəр бириңиз жақсы хызметши сыпатында, Қудайдың сизлерге мийримлилик пенен берген ҳəр түрли руўхый сыйларын қоллана отырып, бир-бириңизге хызмет етиңлер. Адамлар алдында сөйлеген адам Қудайдың сөзине сай сөйлесин. Басқаларға хызмет ететуғын адам Қудайдың берген күши менен хызмет етсин. Усылайынша, Ийса Масих арқалы Қудай ҳəр бир исте алғыслансын. Уллылық ҳəм қүдирет мəңгиге Масихтики. Аўмийин»
«Сүйиспеншиликтиң не екенин Масихтың бизлер ушын Өз жанын бергенинен билемиз. Сонлықтан, бизлер де туўысқанларымыз ушын өз жанымызды бериўимиз шəрт»
«Солай екен, жақсылық ислеўден жалықпаңлар. Егер ҳəлсизленип қалмасақ, ўақты келгенде жемисин орып аламыз»
«Ақыллылар жердиң шырасы сыяқлы ҳəм көпшиликти ҳақыйқатқа қаратқан жулдызлар сыяқлы мəңгиге, биротала жарқырайды»
«Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: Маған исенген адамның өзи де Мен ислеген ислерди ислейди, ҳəтте, олардан да үлкенирек ислерди ислейди. Себеби Мен Әкеме баратырман. Әке Улы арқалы уллыланыўы ушын, Мениң атым менен не сорасаңлар да, ҳəммесин орынлайман. Мениң атым менен бир нəрсе сорасаңлар, Мен оны орынлайман»
ЖИГИРМА АЛТЫНШЫ БАП
14 жасар ўақтымда мен қоңсы баланы достым менен таныстырыўды шештим ҳəм оны: «Бул семиз Майкл», — деп таныстырдым. Оны басқа Майклерден ажыратыў ушын барлық балалар усылай атайтуғын еди. Бирақ сол ўақытта, мен усы сөзлерди айтқанымда, Майктың көзлери қалай түнергенин көрдим ҳəм оған бул лақаптың улыўма унамайтуғынын түсиндим. Маған жүдə қолайсыз болды, себеби мен оны қапа қылыўды улыўма қəлемеген едим. Улыўма мен оны жағымлы деп билетуғын едим, бирақ оның ушын өзиниң сыртқы көриниси аўыр мəселе екенин билмейтуғын едим. Мен ушын «семиз Майк» лақабы ҳəзил еди ҳəм Майктың өзи ҳеш ўақытта оған наразы болмайтуғын еди. Бирақ, бул лақап оны қапа қылатуғын болып шықты. Сол ўақытта мен қапа қылатуғын сөзлердиң бəрҳа жаралайтуғынын түсинбейтуғын едим. Мен қатты уялдым ҳəм кеширим сораўды да билмедим. Мен бул ўақыя ҳаққында умытқан жақсы деп шештим. Майктиң өзи де, мен үмит еткендей, ол ҳаққында тез умытады ҳəм ҳəммеси өтип кетеди.
Тез арада мен сол жерлерден кеттим ҳəм Майкты басқа ҳеш көрмедим. Мен сол ўақыя ҳаққында улыўма умытқан едим ҳəм ол туўралы тек исениўши болғанымнан он бес жылдан соң еследим. Қудайдың алдында жүрегимди толық тазалаў ушын, мен Оннан тəўбе етиўим ҳəм өкиниўим керек болған ҳəр бир гүнамды еслетиўин сорадым. Усындай дуўалардан кейин жаман қылмысларым ҳаққында еслеўлер маған ағып келди, олардың арасында Майк пенен көринисте бар еди. Мен өзим ушын, сөзлерим ушын, ойсыз жаўызлығым ушын ҳəм усы сөзлердиң келтирген аўырықлары менен қатты уялған едим. Мен қатал ҳəм қатып қалған адамлардан өзим неше рет азап шеккенимнен кейин, усыныдай аўырықды басқа адамға келтиргениме таң қалған едим. Мен Қудайдан өзимниң жүрексизлигим ҳəм ақмақлығым ушын кеширим сорадым.
Егер мен Майкти излеп таўып ҳəм оның алдында кеширим сорай алғанымда еди, мен усылай ислеген болар едим, бирақ бул мүмкин емес еди. Мен Қудай Майкти ҳəмме нəрседе жарылқаўы ушын дуўа етип, оның алдында айыбымды жуўыўға ҳəрекет еттим. Мениң сөзлерим оның есинен шығыўы ямаса усы сөзлердиң келтирген сол аўырықтан азат болыўы ушын өзиниң қайғысын жоғалтыўын сорадым.
Бизлердиң мурнымыз ҳəм ийегимиздиң арасында бизлерге үлкен кеўилсизликлер алып келиўге уқыплы ағза жайласқан. Айырым ўақытлары тиллеримизден улыўма жол қойылмайтуғын сөзлер шығады ҳəм нəтийжеде бизлер басқалардың кеўлине тийемиз, ал кейин өзимиздиң ақылсызлығымыздың жемислерин аламыз. Маған он бес жыл алдын айтылған сөзлерим ушын қымбат төлем төлеўиме туўра келди. Сөз шымшық емес, ушып кетсе услай алмайсаң. Ислей алатуғын нəрсе — бул кеширим сораў ҳəм оны алыўға үмит етиў. Аўзымыздан жаман нəрсе шықпаўы ушын, жүреклеримиз сүйиспеншиликке ҳəм жақсылық ислеўди қəлеўге толыўы керек. «…Адамның кеўли неге толып тасса, аўзынан сол шығады ғо» (Матта 12:34). Егер жүрегимиз Қудайдың ҳақыйқаты ҳəм сүйиспеншилигине толса, онда бизлер таза ҳəм мүлəйим нəрсе ҳаққында сөйлеймиз.
Басқалар туўралы тек шағым етеберетуғын ямаса жаманлай беретуғын адам менен сөйлесиўге туўра келди ме? Бул сизди бийзар етпей ме? Сизге қəлеген ўақытта жаман нəрсе еситиўге болатуғын адамлардың топарында болыўға туўра келди ме? Усындай сəўбетлесиўшилерден тезирек қашқың келеди, дурыс па? Мухаддес Китап бизлерге: «Ҳəр бир нəрсени тоңқылдамай ҳəм тартыспай ислеңлер!» — деп буйырады (Флп 2:14). Өмирге наразы болып, бизлер Қудайға исенимсизлигимизди ҳəм Оның ҳəмме нəрсени басқаратуғынына ҳəм бизлерге ғамхорлық ететуғынына, дуўаларымызға жуўап беретуғынына исенимимиздиң ҳəлсиз екенин көрсетемиз. Бул тек бизлердиң дуўа етпейтуғынымыз туўралы гүўалық етеди. Усындай аз исенимге ийе адамлар менен қатнас жасағанда бизлерге шаршататуғындай етип тəсир етпей қалыўы мүмкин емес.
Ҳəр сапары аўзымызды ашқанымызда олардан қудайлық күш, аяўшылық, жубаныш, даналық, сүйиспеншилик ҳəм ҳақыйқатқа толған сөзлер шығатуғынын көз алдымызға келтирейик. Егер Қудайдан жəрдем сорасақ, бул мүмкин болады. Егер жүрегиң жаўызлыққа толы болса, ойыңа келген ҳəмме нəрсе ҳаққында даўыслап ойланыў — қəўипли шынығыў. Егер сен ҳақыйқат туўралы ойлансаң, онда аўзыңнан шығатуғын сөзлер сениң жақсылығың ҳаққыныда гүўалық етеди.
Ҳəр күни не ҳаққында ойлаўымыз керек (Филип 4:8-қа қараң)
1. Ҳақыйқый нәрселер ҳаққында. Егер сен нелердиң ҳақыйқый, нелердиң ҳүрметли, нелердиң ҳақ, нелердиң пəк екени ҳаққында ойлансаң, онда сен өтирик, надурыс, қəте, алдамшы ямаса ҳақыйқат емес нəрселер ҳаққында сөйлемейсең.
2. Ҳүрметли нәрсе ҳаққында. Егер сен əжайып, мақтаўға турарлы, гөззал, жүдə жақсы ҳəм диншил нəрселер ҳаққында ойлансаң, онда сен пəс, патас, ҳарам, майда ямаса наҳақ нəрселер ҳаққында сөйлемейсең.
3. Ҳақ нәрселер ҳаққында. Егер сен əдил, ақыллы, ҳақыйқат, нызамлы, дурыс ҳəм ҳақ нийетли нəрселер ҳаққында ойлансаң, онда сен ақланбайтуғын, пəс, ойланбастан, нызамсыз ямаса əдалатсыз нəрселер ҳаққында сөйлемейсең.
4. Пәк нәрселер ҳаққында. Егер сен таза, анық, гүнасыз, патасланбаған, дақ түспеген нəрселер ҳаққында ойлансаң, онда сен өзгермейтуғын, бузық, жеркенишли, гүналы нəрселер ҳаққында сөйлемейсең.
5. Унамлы нәрселер ҳаққында. Егер сен жағымлы, кеўилли, таң қаларлы ҳəм əжайып нəрселер ҳаққында ойлансаң, онда жағымсыз, қорлайтуғын, қарсылық, жеркенишли, қəсийетсиз ҳəм оңбаған нəрселер ҳаққында сөйлемейсең.
6. Мақтаўға турарлы нәрселер ҳаққында. Егер сен əжайып, ылайықлы, жақсы, рухсат етилетуғын нəрселер ҳаққында ойлансаң, онда сен жаман, қол жетпес, қəлемейтуғын, жаман жаңалықлар, өсек ҳəм сөз таратыўға толы нəрселер ҳаққында сөйлемейсең.
7. Жақсы нәрселер ҳаққында. Егер сен жоқары əдиллик, дурыс ҳəм əжайып нəрселер ҳаққында ойлансаң, онда бузық, тəртипсиз, жаман ҳəм əдепсиз нəрселер ҳаққында сөйлемейсең.
8. Алғысқа ылайықлы нәрселер ҳаққында. Егер сен мүлəйим, оғада жақсы, алғысқа ылайықлы, баҳалы, жағымлы, жоқары, диншил ҳəм мақулланатуғын нəрселер ҳаққында ойлансаң, онда сен ескертиўге ылайықлы, мақуллаўға ылайықсыз, пəс, кеўил қалдыра алатуғын ямаса қапашылыққа алып баратуғын нəрселер ҳаққында сөйлемейсең.
Дана ҳаял сөйлеген ўақытта
Дана ҳаял өзиниң исеними туўралы айтып бергенде, ол өзлериниң ойларын анық ҳәм дәл жеткерип береди. Ең əҳмийетли сөзлерди бизлер ол ҳаққында сораў берип ҳəм тыңлаўды қəлейтуғын ҳəммеге исенимимиздиң негизин түсиндирген ўақтымызда айтамыз. Бизлер мүлəйимлилик пенен ҳəм ҳүрмет көрсетип жуўап бериўди билиўимиз керек (1 Пет. 3:15-қа қараң) ҳəм Қудайдан исеним ҳəм Ол ҳаққында ойымызды анық айтыўға батырлық бериўин сораўымыз керек. Егер бизлер сорасақ, Қудай бизлерге Ийсаны не ушын Миссия деп атайтуғынымызды, не ушын Мухаддес Руўхсыз жасай алмайтуғынымызды ҳəм не ушын билип турып Қудайға унамлы өмир сүретуғынымызды басқаларға түсиндириўге жəрдем береди. Буннан басқа, бизлер бул ҳаққында сүйиспеншилик ҳəм бойсыныўшылық пенен айтыўды билиўимиз керек, болмаса бизлер Қудайдан Өзине қаратыўды қəлеген адамларды узақластырыўға тəўекел етемиз. Егер бизлерде Қудайдың сүйиспеншилиги жоқ болса, онда бизлер ол ҳаққында гүўалық ете алмаймыз ҳəм бизлердиң сөзлеримиз адамларды Қудайға алып келмейди. Олар кери ҳəрекетти келтиреди.
Дана ҳаял сөйлегенде, ол сәўбет ушын дурыс ўақытты таңлайды. Тыңлаўшыға белгиленген сөзлердиң мəнисин əўметли жеткериў ушын, тыңлаўшы усы сөзлерди қабыл етиўге таярлығын түсиниўи керек, ал буны тек алдын дуўа етиўдиң жəрдеминде ислеўге болады. Мухадес Китап бизлерди сөзде əсте болыўға үйретеди (Сул. 29:6–20-ға қараң). Дана ҳаял өзиниң ойын ҳеш ўақытта сырттан айтпайды. «Ақмақ бар ашыўын төгеди, дана болса ишинде сақлайды» (Сул. 29:11). Егер сен ҳақ болсаң да, адамлар буны бəрҳа түсине бермейди. Буған ким ҳəм қашан таяр екенин тек Қудай биледи. Буны саған ашыўын Оннан сора.
Дана ҳаял сөйлеген ўақытта, ол ҳақыйқатты айтады. Өтирикти айтып, бизлер басқаларға ҳəм өзимизге-өзимиз зыян келтиремиз. «Сонлықтан, өтириктен ўаз кешип, ҳəр бириңиз исениўши туўысқанларыңызға ҳақыйқатты айтыңлар. Себеби ҳəммемиз бир денениң мүшелеримиз» (Ефес 4:25). Бирақ, егер Қудайдан даналық сорап ҳəм сəўбет ушын қолайлы ўақытты күтпестен адамларға олар ҳаққында ҳақыйқатты ашыўды басласаң, сен үлкен қəте ислейсең. Адамлар минут сайын критикаға түсиўди қəлемейди, себеби бул олар ушын шыдап болмайтуғындай. Айырым ўақытлары үндемеў ҳəм Қудайдан адамның ашық сəўбетке таяр болатуғын ўақтын көрсетиўин сораған жақсы.
Дана ҳаял сөйлеген ўақытта, ол кем сөзли болады. Керегинен көбин айтпаў ушын даналық керек. «Тилиң менен асықпа…» (Ўаз 5:1). Мен дуўа етиў топарымның ағзаларына, машқалаларымыздың шешими ҳаққында дуўа етиўге қарағанда, олар ҳаққында көбирек ойланбаўымыз кереклиги ҳаққында бəрҳа еслетемен. Бизлер сондай-ақ айтатуғынымызды алдын ойланбастан тилимизге ерк бериў ҳуқықына ийе емеспиз. Себеби бизлер айтқан ҳəр бир бос сөзимиз ушын ҳүким күнинде жуўап беремиз (Мт 12:36-қа қараң). Қорқынышлы ескертиў. Бизлер ана яки мына жағдай ҳаққында қанша узақ сөйлесиўимиз кереклигин түсиниў ушын Қудайдан даналық сораўымыз керек.
Дана ҳаял сөйлеген ўақытта, оның аўзынан өмир алып келетуғын сөзлер шығады. Бизлердиң турпайы, қатаң, өтирик, қапа қылатуғын ямаса менмен сөзлерди айтыўға ҳақымыз жоқ, себеби бизлер сөзлеримизге жуўапкершиликлимиз. Өз сөзлеримиз бенен бизлер я өмир жаратамыз, я оны бузамыз. «Аўыздан шыққан кеўилден шығады. Адамды ҳарамлайтуғын усы» (Мт 15:18). «Дананың аўзындағы сөзлер — жарылқаў, ал ақмақтың аўзы оны набыт етеди…» (Ўаз 10:12). Қудайдың усы сүйиспеншилик, ҳақыйқат ҳəм шыпалаўшы күши сениң сөзлериңде де толыўы ушын таза жүрек жаратыўын ҳəм оны Мухаддес Руўхқа, Қудайлық сүйиспеншиликке ҳəм ҳақыйқатқа толтырыўын сора. Өмир алып келетуғын дурыс сөзлерди көрсетиўин Оннан сора.
Мухаддес Жазыўда «жобалар адамның жүрегинде, тилдеги жуўап Ийемизден» деп айтылған (Сул. 16:1). Мен күнде Сениң сөзиңде болып ҳəм Сениң нызамыңа бойсынып жүрегимди жибитиўди қəлеймен. Аўзымнан шығыўы ушын жүрегимди сүйиспеншилик, тынышлық ҳəм қуўанышқа толтыр. Өмирге наразы болғанымда ямаса бир нəрсе туўралы жаман нəрсе сөйлесем мени əшкарала. Жаралайтуғын сөзлерди ҳеш ўақытта айтпаўым ушын нəтийже шығарыўға асықпаўға ҳəм жүдə көп сөйлемеўге үйрет. Сеннен өтинемен: ҳəр сапары маған айтыўға ылайықлы сөзлерди айт. Қашан сөйлеўим кереклигин, ал қашан үндемеўим кереклигин маған көрсет. Аўзымды ашқанымда, оларға өмир алып келетуғын сөзлерди сал.
Мени даналық, жақсылық ҳəм ойланып сөйлейтуғын ҳəм аңмақ, қопал ямаса қатал сөзлерди ҳеш ўақытта айтпайтуғын ҳаял қыл. Мени тыңлаўшыларға Сениң нызамыңның негизин түсиндириўди билиўим ушын, өзимде жасап атырған үмитке толған сөзлерди маған айт. Мен сөйлейтуғын сөзлер басқа адамларға Сени жақсы билиўге жəрдем берсин.
«Ким де ким өмирди сүйип, жақсы күнлер келиўин қəлесе, тилин жаман сөзден, аўзын өтирик сөз айтыўдан тыйсын»
«Дананың жүреги тилине даналық береди, сөзлерин исенимли қылады»
«Масихты „Ийемиз“ деп кеўиллериңизде айрықша қəстерлеңлер. Сизлердеги үмит ҳаққында сораған ҳəр бир адамға жуўап бериўге ҳəмме ўақыт таяр болыңлар. Деген менен, буны мүлəйимлилик пенен, ҳүрмет көрсетип ислеңлер. Масихқа тийисли болған сизлердиң жақсы жүрис-турысыңызды жаманлап мазақ ететуғынлар уялып қалыўы ушын, ҳүжданыңызды таза тутыңлар. Жақсылық етип азап шегиў Қудайдың қəлеўи болса, бул жаманлық ислеп азап шегиўден жақсырақ»
«Жағымлы сөз балдай, жанға рəҳəт, сүйеклерге шыпалы»
«Туўры сөз патшаның қуўанышы, ол ҳақыйқатшылды жақсы көреди»
ЖИГИРМА ЖЕТИНШИ БАП
Он жасқа толған ўақтымда, туўылған күниме маған айналы шарик түриндеги кулоны бар жиңишке алтын шынжыр саўға етти. Шариктиң ишинде кишкене қышқыл туқымы бар еди. Сол ўақытта мен: «Ол жерге усындай кишкене туқымды тығыўдың неге кереги бар еди — себеби дерлик ол көринбейди ғо?» — деп ойладым. Сол ўақытта мен усы образдың мəнисин еле түсине алмайтуғын едим.
Тек бир неше жылдан кейин усы кишкене туқымның сыры маған ашылды. Ийса: «…Исенимиңиз аз болғанлықтан. Мен сизлерге шынын айтып турман: егер исенимиңиз қышқыл туқымындай ғана болса да, бул таўға: „Усы жерден ана жерге көш!“ десеңлер, ол көшеди. Сизлердиң қолыңыздан келмейтуғын ҳеш нəрсе болмайды», — деди (Мт 17:20–21). Соннан берли мени бəрҳа: не ушын туқым сондай кишкене? — деген сораў қызықтыратуғын еди. Егер усындай көлемдеги исеним таўды қозғалтыўға жетерли болса, онда өмиримниң жағдайын өзгертиўим ушын мениң исенимим жетеди.
Егер бизлер онда жасасақ, Қудай бизлердиң исенимимизди көбейтеди. Мухаддес Китапта «Қудайдың өзине берген исеними» ҳаққында айтылған (Рим 12:3). Баслама ушын бизлерде исенимниң қандай да муғдары бар ҳəм бизлер ҳақыйқат жолында биринши қəдемди ислегенимизде, Қудай оны көбейтеди. Басқа сөз бенен, исеним бойынша ҳəрекет исенимди улғайтады.
Сен буны түсинесең бе, жоқ па, бирақ сен ҳəр күни исеним менен жасап атырсаң. Шыпакерге мүрəжат етип, сен оның ҳəммесин дурыс ислейтуғынына исенесең. Дəриханадан дəри сатып алып, сен ҳəммесин рецептке сəйкес ислеп атырғанына фармацептке исенесең. Ресторанда түски аўқатты жеп атырып, сен ол жерде сени уўламайтуғынына исенесең (бир ресторанларда басқаларына қарағанда исенимге көбирек ылайықлы). Қудайға исениў қаншелли дурыс!
Егер бизлер тек бизлерден сораған ўақтында Оның буйрықларын орынлаўға таяр болсақ, өмиримизде Қудай қандай уллы ислерди ислеўди қəлейтуғынын бизлер көз алдымызға келтире алмаймыз. Соның ушын Ол бизлердиң сынақлар арқалы өтиўимизге, ҳəлсизлик ҳəм күшсизлик дəўирлерин бастан өткериўимизге жол қояды. Ол бизлерди Өзине қаратыў ушын, Онда жəмлениўимиз ушын өмиримизде белгиленген ўақыялардың болыўына жол қояды. Дəл усындай дəўирлерде бизлер үлкен исеним менен дуўа етиўге мүтəжлик сеземиз, нəтийжеде ол тезирек өседи.
Ийса: «…Сизлерге исенимиңиз бойынша болсын…», — деп айтты (Мт 9:29). Демек, егер исенимимизден сонша нəрсе ғəрезли болса, бизлерде қəўетерлениўге орын бар. Бирақ, бизлерге исенимди «өсириўге» жəрдем беретуғын усыл бар, мысалы, Қудайдың сөзиниң жəрдеми менен. Исеним еситиў аррқалы болатуғыны белгили (Рим 10:17-қа қараң). Егер сен Қудайдың ўəделерине исенсең ҳəм оларды сырттан жəрияласаң, сен исенимиңниң қандай тез өсип атырғанын көресең.
Исеним бизлер дуўа еткенимизде де өседи, себеби дуўа етиў арқалы бизлер Қудайға жақынласамыз ҳəм Оған тийемиз. Бир күни ҳаял өзине-өзи: «…Оның кийимине ғана қолымды тийгизсем, шыпа табаман…» (Мт 9:20–22), — деп айтып Ийемизге исеним менен қолын тийгизди. Ҳəр сапары дуўа еткенимизде Қудайға қол тийгизип, бизлер шыпаланамыз, ал исенимимиз болса өседи.
Күн сайын исенимге көбирек мүтəж боламыз. Ҳəр биримиздиң өмиримизде бир күни бизлерге əўмет ҳəм сəтсизликтиң, жеңис ҳəм жеңилистиң, өмир ҳəм өлимниң арасындағы айырмашылықты көриўге жəрдем беретуғын исеним талап етилетуғын ўақыт келеди. Соның ушын бизлердиң исенимимиздиң беккемлениўи ҳаққында турақлы дуўамыз Қудайға қаратылған болыўы керек. Сениң исенимиң қандай ҳəлсиз болса да, Қудай оны беккемлей алады.
Егер исенимиң жүдə ҳəлсиз көринсе де, сен бəри бир таўларға орнынан қозғалыўға буйрық бере аласаң ҳəм Қудай мүмкин болмағанды ислейди. Сен өмирлик жолыңның туўрыланыўы, бузылған өмириңниң шыпаланыўы ҳəм тиклениўи ҳаққында дуўа ете аласаң. Сен Қудайдан исенимиңди беккемлеўин ҳəм ҳақыйқат бойынша ислеўиңе батырлық бериўин сорай аласаң. Ол саған жуўап береди.
Сен Қудайдың қайсы ўəделерин алыўды қəлер едиң? Сен гүмансыз, исеним менен қандай дуўада дуўа етиўди қəлер едиң? Өмириңде ямаса басқа адамның өмиринде қандай өзгерислер ҳаққында үлкен исеним менен дуўа етиўди қəлер едиң? Қудайдан өзиңде бар болған исеним туқымын алып ҳəм оннан өз көзиң менен көре алыўың ушын исенимниң үлкен терегин өсириўин сора.
Мен исеним «үмит етилген нəрселердиң əмелге асатуғынына ҳəм көринбейтуғын затлардың бар екенине гүмансыз исениў» екенин билемен (Евр. 11:1). Сениң сыйың болған «исеним арқалы» қутқарылғанымды билемен (Еф 2:8-қа қараң). Дуўам исеним дуўасы болыўы ушын исенимимди беккемле, себеби əдил адамның күшли дуўасы көп нəрсе ислей алады. Аўырыўлар ушын дуўа еткен ўақтымда ҳəр сапары шыпаланыўға исениўиме жəрдем бер. Мен адамның мүтəжлигин көрип, бирақ ол ушын дуўа ете алмайтуғын ҳəм исенимим жетерли күшли болмағаны себепли жақсыға өзгериўди қатты үмит ететуғын жағдайға түсиўди қəлемеймен.
Маған «шайтанның барлық оқлы отларын өшире» алатуғын «исеним қалқанын» алыўға жəрдем бер (Еф 6:16). Мени «ҳеш гүманланбастан, исеним менен сораўға» үйрет, себеби мен «гүманланған адам самал менен шайқатылып тынышсызланған теңиз толқынына уқсайтуғынын» ҳəм бундай адам Қудайдан ҳеш нəрсе алмайтуғынын билемен (Яқ 1:6–8-ға қараң). Мен «…исеним менен исленбеген ҳəр бир ис — гүна» екенин билемен (Рим 14:23). Мен Сениң алдыңда барлық гүманыма гүна сыпатында тəўбе етемен ҳəм мени кешириўиңди соранаман. Мениң гүналарым Сениң менде ҳəм мен арқалы жаратыўды қəлеген нийетиңниң орынланыўына тосқынлық етиўин қəлемеймен. Сениң атыңнан таўларды қозғалта алыўым ушын күн сайын мениң исенимимди беккемле.
«Исеним болмаса, Қудайға унаў мүмкин емес. Өйткени ким де ким Қудайға жақынламақшы болса, Оның бар екенине ҳəм Оның Өзи излегенлерди сыйлықлайтуғынына исениўи тийис»
«Ийса оған: — Егер қолыңнан келсе, дейсең бе? Исенетуғын адамға ҳəмме нəрсе мүмкин, — деди»
«Ийса оларға: Исенимиңиз аз болғанлықтан. Мен сизлерге шынын айтып турман: егер исенимиңиз қышқыл туқымындай ғана болса да, бул таўға: „усы жерден ана жерге көш!“ десеңлер, ол көшеди. Сизлердиң қолыңыздан келмейтуғын ҳеш нəрсе болмайды, — деди»
«Солай етип, исеним менен ақланғанымыз себепли, Ийемиз Ийса Масих арқалы Қудай менен жарастық»
«Усы себепли қуўанып, шадланыңлар. Ҳəзир қысқа бир ўақыт ҳəр түрли сынаўларға ушырағаныңызда азап шегиўге туўра келсе де, бул исенимиңиздиң таза болыўы ушын пайдалы. Өйткени от пенен тазаланғанда жоқ болып кететуғын алтыннан қымбатлырақ болған исенимиңиз сынаўдан өтип, сизлер Ийса Масих келгенде, мақтаў, даңқ ҳəм ҳүрметке сазаўар боласызлар»
ЖИГИРМА СЕГИЗИНШИ БАП
Жақында мен бир шопанның ҳаўа-райы ыссы ҳəм ығаллы болған дүньяның ең узақ шетлериниң биринде қалай ибадатхана жаратқаны ҳаққындағы гүрриңин еситтим. Сол кишкене аўылға барып, ол ҳəм оның ҳаялы ол жердиң турғынларының белинде тар сызықлы таўардан басқа ҳеш нəрсеси жоқ сыртқы көринисине ҳайран қалған еди. Ҳаяллар белине шекем жалаңаш жүретуғын еди. Биринши орында шопан ҳаялы менен қалай кийиниўди оларға түсиндирип, ҳаяллардың арасында түсиндириў жумысларын өткерди. Шопан оларға тез арада аўылға алып келиў ушын футболкаға буйыртпа берди.
Ҳəр бир ҳаял бир футболкадан алды. Ҳəммеси усы ўақыядан жүдə толқынланды ҳəм келеси күни оларды кийиўге ўəде берип, саўғаны үйлерине тез алып кетти. Келеси күни азанда болса ҳəммеси жыйналды, шопан ҳаялы менен алдынғыдан да таң қалды: ҳаяллар көкиреклери көринетуғындай етип футболкаларды кескен.
Мен усы гүрриңди еситип атырып күлдим ҳəм бизлер денемизди жаўып ҳəм Оның менен қатнасымызды жақсылай алыўымыз ушын Қудай бизлерге неше мəрте кийим беретуғынына таң қалыўды тоқтатпадым. Бирақ бизлер денемизди жалаңашлаў ушын кийимниң өзимизге унамайтуғын бөлегин кесемиз.
Бизлердиң өзлеримизди өзгертиўге уқыплы емеслигимиз таң қаларлы емес. Бизлер неде өзгериўимиз кереклигин ҳəм не ушын екенин түсинбеймиз. Усы нəрселердиң ҳəммесине көзимизди тек Қудай аша алады. Солай екен, бизлер Қудайдан: «Қудайым, мени өзгерт», — деп сораныўымыз керек. Бул ең қыйын дуўалардың бири екени маған белгили. Бизлерге: «Қудайым, оны өзгерт», — деп сораў аңсат. Бирақ, егер бизлер Қудайға өмиримизде Өзине унаған ҳəмме нəрсени өзгертиўге карт-бланш берсек, онда тек Ол не ислеўди биледи.
Бирақ бизлерди өзгертиўге күши бар ҳəм усының менен бизлерди қорқытпайтуғын дуўа етиў бар. Мине бул дуўа етиў: «Қудайым, мени илажы болғанынша Масихқа көбирек уқсас ет». Ким Ийсаның минезине уқсаўды қəлемейди? Ким ҳəмме нəрседе Оған уқсаўды қəлемейди?
Масихтың жети баслы сыпаты
1. Ийса сүйиспеншиликтиң өзи болды. Ийсаның жүреги адамның түсинигинен жоқары сүйиспеншиликке толы болды. Ол сыяқлы дүньяның гүналарын өзимизге алыўға бизлерге ҳеш ўақытта туўра келмейди, бирақ Ол бизлердиң басқалар ушын өмиримизди басқаша қурбан етиўге таяр болыўымызды қəлейди. «Сүйиспеншиликтиң не екенин Масихтың бизлер ушын Өз жанын бергенинен билемиз. Сонлықтан, бизлер де туўысқанларымыз ушын өз жанымызды бериўимиз шəрт» (1 Юх. 3:16). Оның сүйиспеншилиги сениң ҳəм сен қатнаста болатуғын адамлардың өмиринде кəраматлар ислей алады. Қудайдың сүйиспеншилиги сениң басқалар менен бөлисиўиңе қарап өседи. «Сизлерге жаңа буйрық берип атырман: бир-бииңизди сүйиңлер! Мениң сизлерди сүйгеним сыяқлы, сизлер де бир-бириңизди сүйиңлер» (Юх 13:34). Адамлар менен қатнаста оларға Қудайдың сүйиспеншилигин көрсете алыўың ушын дуўа ет.
2. Ийса мүләйим болды. Ийса — əлемниң Ийеси, солай болса да Ол «Өзин пəс тутты ҳəм өлимге, ҳəтте, атанақ ағаштағы өлимге барып, Қудайға бойсынды» (Флп 2:8). Оның мүлəйимлилигиниң ең болмағанда азғантайына ийе болып, бизлер усы дүньяда көп нəрсе ислей аламыз, өйткени бүгинги күнде мүлəйимлилик — сийрек қəбилет. Бирақ ол бизлерге жүдə керек, себеби менменлик ушын қымбат төлеўге туўра келеди. «Барлық тəкаббырлар Ийемизге жеркенишли, олар жазасыз қалмайды» (Сул. 16:5). «Менменликтиң артынан апат келеди, тəкаббырлықтың кейнинен болса адам сүрнигеди» (Сул. 16:18). Мүлəйимлилик көрсетип, сен өзиңди қоршаған адамларға терең тəсир көрсете аласаң, себеби сениң жүрис — турысың өзинде ҳəмме қабыл еткен дəрежеден сөзсиз шегиниўди көрсетеди. Қудайдан өзиңде мүлəйим жүрек жаратыўын сора.
3. Ийса садық болды. Ийса Өзиниң көзқарасларынан ҳеш ўақытта бас тартпады ҳəм Өзиниң статусына ҳəм жердеги: «…Мен жол, ҳақыйқат ҳəм өмирмен…», — деген арналыўына гүманланбады (Юх 14:6). Ҳеш нəрсе, шайтанның азғырыўлары да Оны екилендире алмады. Бизлер бүгинги күнде өзимиз ушын Оның Ким екенин беккем билиўге ҳəм соның менен өзимиздиң ким екенимизди түсиниўге миннетлимиз. Бул жағдайда бизлер жерде беккем турамыз. Қудайдан Ол сыяқлы, садық бола алыўың ушын өзиңниң ишки адамыңда тастыйықланыўға жəрдем бериўин сора.
4. Ийса сақый болды. Ийса Өзин Өз шəкиртлерине оларды тəрбиялаў ҳəм кейин олар арқалы көплеген адамлардың жүреклерин қорғаўы ушын берди. Ол көпшиликтиң шыпаланыўы, азат болыўы ҳəм қайта тиклениўи ушын Өзиниң күшин берди. «Мен сизлердиң Ийеңиз ҳəм Устазыңыз бола тура, аяқларыңызды жуўған болсам, сизлер де бир-бириңиздиң аяқларыңызды жуўыўыңыз тийис. Мен сизлерге не ислеген болсам, сизлер де соны ислеўиңиз ушын, Мен сизлерге өрнек көрсеттим» (Юх 13:14–15). Оның уллы сыйы Оның өмири болды: «Өйткени Қудай сизлерди усы ушын шақырды. Масихтың Өзи сизлер ушын азап шегип, Оның изинен жүриўиңиз ушын өрнек көрсетти» (1 Пет 2:21). Егер бизлерде адамлар менен бөлисетуғын ҳеш нəрсемиз болмаса, Қудай бизлердиң қорымызды толтырады: «Жəне де, Қудай сизлерди мол мийрим менен байытыўға қүдиретли. Солай етип, барлық ўақытта ҳəмме нəрсеңиз жетерли болып, ҳəр қандай жақсы иске бай боласызлар» (2 Кор. 9:8). Қудай өмириңе алып келетуғын адамлар менен бөлисе алатуғын Өзиниң сыйлары менен сени толтырыўын Оннан сора.
5. Ийса Өзин дүньядан ажыратып турды. Ийса дүньяда жасады, бирақ Ол усы дүньяның бөлеги болмады. Ол дүньяға тәсир етиў ушын келди, бирақ Ол дүньяға қандай жағдай болса да уқсамады. Ол дүньядан ажыралып турды ҳəм солай болса да Ол Өзиниң дөгерегиндеги дүньяны өзгертти. Бизлер өмиримизде усындай теңлесиўди табыўымыз ушын дуўа етиўимиз керек. Бир тəрептен, бизлер дүньядан улыўма бөлеклене алмаймыз, бирақ, басқа тəрептен, бизлер дүньяға уқсап ҳəм оның қағыйдалары бойынша жасай алмаймыз, болмаса адамлар дүнья ҳəм бизлердиң арамызда ҳеш қандай айырмашылықты көрмейди. Ийса Өзиниң мақсетин ҳеш ўақытта көз алдынан жоғалтпады, мəңгиликти көринисинде көриўди ҳеш ўақытта тоқтатпады. Бизлер дəл соны ислеўге шақырылғанбыз. Ким екениңди, неге шақырылғаныңды ҳəм мəңгиликти қай жерде өткермекши екениңди бəрҳа есте тутыўың ушын дуўа ет.
6. Ийса Қудайға бойсыныўшы болды. Ийсаның ең таң қаларлық айрықшалықларының бири, Ол Қудай бола тура Өзиниң ерки бойынша ҳеш нəрсе ислемегени болды. Ол Қудайға дуўа етти ҳəм Оның буйрығысыз ҳеш нəрсе ислемеди. Бизлер де солай ислеўимиз керек: «Қудай менен биргемен деген адам Ийса сыяқлы жасаўы шəрт» (1 Юх 2:6). Ийса өлемен дегенше бойсынды. Бойсыныўшылықтың буннанда жоқарырақ дəрежеси болыўы мүмкин бе? Ол Өзиниң арналыўын орынлады, себеби Өзиниң өлими ҳəм қайта тирилиўинен кейин исленетуғын уллы ислер ҳаққында билетуғын еди. Бизлер Оған еликлеўге шақырылғанбыз, «Исенимимиздиң тийкарын салыўшы ҳəм оны минсизликке еристириўши Ийсаға көз тигейик. Ол Өзин күтип турған қуўаныш ушын, атанақ ағашта шегелениўдиң шермендешилигин писент етпей өлимге барып, Қудайдың тахтының оң тəрепине отырды. Гүнакарлардың усындай қарсылықларына шыдаған Ийсаны ойлаңлар. Сонда ҳалдан тайып, руўхый түскинликке түспейсизлер» (Евр 12:2–3). Қудайдан өзиңнен бас тартыўға ҳəм Ол ушын жасаўға үйрениўиң ушын жəрдем сора.
7. Ийса нур болды. Адамлар нурға тартылады ҳəм бизлер олардың бизлерде жанып турған Қудайдың нурына тартылыўын қəлеймиз. Ийса: «…Мен — дүньяның нурыман. Ким де ким Маған ерсе, қараңғылықта жүрмейди, ал өмир нурына ийе болады» (Юх 8:12), — деп айтты. Бизлер қараңғылықта жүриўди қəлемеймиз; бизлер Ол нурда болғаны сыяқлы нурда болыўды қəлеймиз. Барған барлық жериңде адамлар тоқтап ҳəм: «Билетуғын нəрсеңди бизлерге аш. Сендеги айрықшалық неде? Сенде бар нəрсеге ийе болыў ушын бизлер не ислейик?» — деп айтыўы ушын өзиңди Масихқа уқсатыўын Қудайдан сора. Сонда сен оларға ишиңдеги нурдың булағы ҳаққында ҳақыйқатты аша аласаң.
Маған дүньядан узақласыўға, бирақ жəмийеттен толық бөлекленбей ҳəм оған арқамды қаратып бурылмаўыма жəрдем бер. Саған неде қулақ аспайтуғынымды маған көрсет ҳəм маған менменликтиң қəлеген түрине қарсы турыўға жəрдем бер. Мениң бойсыныўым, өзимде жасап атырған Сениң Руўхыңның гүўалығы болсын. Мени толтыратуғын Сениң сүйиспеншилигиң Сениң уллылығыңның гүўалығы болсын. Оларды тек Сен сүйиўди билетуғыныңдай етип адамларды сүйиўди маған үйрет.
Егер қатқан болса, жүрегимди жибит. Егер кеўип қалған болса, жанымды жибит. Мени бағытла ҳəм неде Саған бойсынбасам маған көрсет. Ийсаға уқсас, Сениң садық, сақый ҳəм бойсыныўшы қызың болыўыма жəрдем бер. Егер менде ҳəм мениң өмиримде исленетуғын қəлеген өзгерислерге мен қарсылық етсем, ҳəмме нəрседе Саған исениўди үйрениўиме жəрдем бер. Мени билетуғын ҳəммеге нур болыўым ушын менде Сениң нурың жарқырасын. Мен емес, ал менде Сен жаса (Гал 2:20). Адамлар мени көрип Сени билиўди қəлеўи ушын Масихқа уқсас болыўыма жəрдем бер.
«Мен Масих пенен бирге атанақ ағашқа шегеленгенмен. Енди жасап атырған мен емес, ал менде Масих жасап атыр. Ҳəзир денеде жасап атырған өмиримде, мени сүйген ҳəм мен ушын Өзин қурбан еткен Қудайдың Улына деген исенимим менен жасап атырман»
«Мухаддес Руўхтың Өзи бизлердиң руўхымыз бенен бирликте Қудайдың балалары екенлигимиз ҳаққында гүўалық береди. Егер бизлер Қудайдың балалары болсақ, онда мийрасқа ийе боламыз. Масих пенен бирге уллыланыў ушын, Оның менен бирге азап шексек, онда бизлер Масих пенен бирге мийрасқа шерик болған Қудайдың мийрасхорларымыз»
«Сол себептен, Қудай Ийемиз былай дейди: „Исенбейтуғын адамлар арасынан шығып, олардан бөлеклениңлер. Ҳарам нəрсеге қол тийгизбеңлер, сонда Мен сизлерди қабыл етемен“. Жəне де, ҳəмме нəрсеге қүдиретли Қудай Ийемиз былай дейди: „Мен сизлерге Әке боламан, сизлер Мениң ул-қызларым боласызлар“»
«Бирақ, Ийемиз маған: „Саған берген мийримим жетеди. Себеби Мениң қүдиретим ҳəлсизлик арқалы толық көрсетиледи“ — деди. Сонлықтан, Масихтың қүдирети менде болсын деп, мен ҳəлсизликлериме еле де көбирек қуўанып, олар менен мақтана беремен»
«Маған күш-қуўат беретуғын Ийса Масих пенен бирге ҳəмме нəрсени ислей аламан»
ЖИГИРМА ТОҒЫЗЫНШЫ БАП
Сен аралықта жуўырып баратырғаныңды ҳəм бар күшиң менен финишке биринши жетип ҳəм саўғаны алыўға ҳəрекет етип атырғаныңды көз алдыңа келтир. Бирақ, усы мақсетке жетиўге қаншелли тырыссаң да, сен ислей алмай атырсаң, себеби сениң бир аяғыңа жүк байланған. Сен оны өзиңе қарай күш пенен тартасаң, бирақ ол тез шаршап ҳəм аралықтан улыўма шығып кетиўди шешетуғындай соншелли аўыр. Бул жүкти өзиң менен тартып жүриўге миннетли емес екениң сениң ойыңа да келмейди — бирақ олсыз өмириңди көз алдыңа келтире алмайтуғындай ол сонша узақ ўақыт сениң бөлегиң болды. Не болса да, усы жүктен азат болмай, сен өзиң ушын Қудайдың таярлап қойған қəлеўли сыйына жуўырыўды даўам ете алмайсаң.
Сюжет, көпшилигимизге таныс, ырас емес пе? Бизлер өзлеримиздиң өмирлик аралығымызда ғайрат салып жуўырамыз, бирақ бул ҳаққында билмей, өзимизде өтмишимиздиң зыят жүгин алып жүриўимиздиң себебинен керекли тезликти ҳеш жыйнай алмаймыз. Бахытсызлық усы жүкти бизлердиң өзимиздиң бөлегимиз болатуғындай өзимиз бенен сондай алып жүриўимизден қуралған. Айырым ўақытлары оны алып жүриў бизлерди терең қапашылыққа түсиретуғындай аўыр болады. Менде əжайып жаңалық бар: Қудай сени биротала азат етиў ушын усы қыйыншылықты сеннен алыўды қəлейди.
Бул жүк саған қашан — балалықта ямаса тек кеше — илингени əҳмийетли емес, сениң өтмишиң Қудайдың жарылқаўын алыўға саған бəрҳа тосқынлық етеди. Соның ушын Қудай сени өтмишиңнен азат етиўди қəлейди. Сондай-ақ, Ол өтмиште жоғалған ямаса жоқ қылынған ҳəмме нəрсени жуўып ҳəм тиклеўди ҳəм өткен күнлерге ҳəзирги өмириңде белгиленген мəнис бериўди қəлейди. Атап-айтқанда, сен өзиңниң алдыңа Қудайдың қойған мақсетлерине егер өтмиш пенен жасасаң ҳеш ўақытта жете алмайсаң. Ийсаны Қутқарыўшым деп мойынлап, сен жаңа жаратылыс боласаң. Ол сениң өмириңниң барлық жағдайларын жаңартты ҳəм сениң усы өзгериске сəйкес жасаўыңды қəлейди.
Қудай бизлерге ядымызды алдыңғы ўақыялар ҳаққында еслеўлер жүгинен азат етиўимизди буйырады, бирақ буны ислеў аңсат емес. Өзиңниң өтмишиңди қалай умытыўға болады? Есиңди жоғалтып па? Ямаса ҳəммесинен бас тартып па? Өтмиш улыўма болмағандай етип көрсетиў ме? Еслеўлерди жоқ етиў бойынша операцияны бастан өткериў ме? Яқ. Тек бизлер дуўа етип Қудайдан өтмишимизден азат етиўин ҳəм бизлер ҳəзиргиден бахытлы жасай алыўымызды сораўымыз керек.
Қудайдың ең уллы сырларының бири, Ол бизлердиң тек ишки жараларымызды шыпалап қоймастан, ал қандай да əжайып образда усы қайғылы тəжирийбени бизлерге жақсылыққа қолланыўынан ибарат. Қудай бизлердиң еслеўлеримизди өширмейди, Ол саған келтирип атырған аўырықлардан сени толық азат етеди. Қудай саған енди ҳеш ўақытта алдынғыға қайтыўды қəлемейтуғындай сондай қатты жақсы көрип қалатуғын таза өмирди береди. Еслеўлер өзиң менен қалады, бирақ еске түсириўлердиң аўырығы кетеди. Буның орнына жүрегиң сени қайта тиклеп ҳəм мақсетли адам қылғаны ушын Қудайға миннетдаршылыққа толады. Сен бул жол өзлери ушын да ашық екенин олар билиўи ушын өз басыңнан кеширгенлериңди басқа адамлар менен бөлисиўди, оларға өзиңниң еркинлигиң, қайта тикленгениң ҳəм шыпаланғаның ҳаққында айтып бериўди қəлейсең.
Келешектеги жақсылық ушын
Қудай сениң еслеўлериңди өширмегениниң себеби, Ол өтмишиң саған белгиленген хызметти алып барыўыңа жəрдем бериўин қəлеўинен ибарат. Ол сениң өтмишиңдеги барлық ең жаман нəрсени алып ҳəм саған келешекте беретуғын уллы жарылқаўға айландыра алады. Ол сениң Оған хызметиңниң тийкарын беккемлейди ҳəм сонда сен Оның нурын басқа адамларға алып барасаң.
Дəл соның ушын Қудай сениң өз қəтелериңди үйрениўиңди ҳəм аўырық келтиретуғын еслеўлерден қалай сени азат еткени ҳаққында гүўалық ете алыўыңды қəлейди. Бирақ Қудай сениң өтмиште жасаўды даўам етиўиңди қəлемейди. Өзиңниң өтмишиңди келешегиң ҳаққында пайғамбаршылық сыяқлы емес, ал китап сыяқлы оқыўың Оған унайды. Артта қалған ҳəмме нəрсени умытып ҳəм алға бағдарланыўың Оған унайды (Флп 3:13-қа қараң).
Көпшилик адамлар Қудайдың өзлери ушын таярлап қойған келешегине ийе болмайды, себеби өзиниң өтмишинде қалады. Буның айқын мысалы болып, бир күни биреўден бас тартылған ҳəм енди буның жəне қайталанатуғынынан қорқатуғын адамлардың өмири хызмет етеди. Олар басқа адамлар тəрепинен өзине жаман қатнасты күтеди ҳəм олардың сөзлеринде ҳəм ислеринде тек қарсылықты көреди. Соның ушын олар қорқақ, бəрҳа ашыўшақ, бир нəрсеге қапа болған ҳəм əтираптағылардың айтқанларын қыйналып қабыл етеди. Басқаша айтқанда, олардың қабылланбай қаламыз деп қорқыўы, оларға ҳəммесинен көбирек қорқатуғын сол унамсыз қатнасты пайда етеди. Жабық шеңбер пайда болады.
Өзиңде алып жүрген өтмиштиң барлық жүги əтираптағыларға көринип турады. Бизлер менен болған сол жаман нəрсе ҳəм болмаған сол жақсы нəрсе бизлерде сөзсиз из қалдырады, соның ушын адамлар майда-шүйдесин билместен, бизлердиң бир нəрсеге аўырласқанымызды көреди. Бирақ Қудай сени өтмишиңнен азат етеди ҳəм егер сен бул ҳаққында Оннан сорасаң, оны Өзиниң даңқы ушын қолланады.
Артқа қарама
Өтмиш пенен ажырасыўды шешип, артқа қарамаў ҳəм ол сени гүзетип жүрмегенлигине қарамаў əҳмийетли. Луттың ҳаялы усылай иследи ҳəм қатып қалды. Сени де сондай тəғдир күтиўи мүмкин. Сениң алға жылжыўың көринерли түрде пəсейиўи мүмкин., жақсы жуўырыўшылар алдында турған мақсетке бəрҳа жəмленеди ғо.
Егер сенде ҳеш қандай муңлы еслеўлер болмаса да ямаса егер сен олардан əлле қашан азат болсаң да өтмиштен азат болыў ҳаққында дуўа етиў бəрҳа керек. Бул əҳмийетли, себеби өтмишиңдеги жақсы нəрсе де ҳəзиргиден жаңа нəрсе жаратыўға Қудайға тосқынлық ете алады. Өтмиштеги басыңнан кеширгенлериңде қатып қалып, сен Қудайдың ҳəзирдиң өзинде ислемекши болғанын биле алмаўың мүмкин. Ол сени таза дəрежеге шығарыўды бəрҳа қəлейди, бирақ, егер алдыңғы нəрселердиң қəдимгидей тəртибине жабысатуғын болсаң Оған тосқынлық етесең. Ерискен нəрсемизге тынышланыўымызға Қудай ҳеш ўақытта жол қоймайды. Бирақ, егер бизлер өзлеримизге үмит етсек, демек, бизлер Оған исенбеймиз.
Сениң жасыңнан ғəрезсиз Қудай өмириңде таза нəрсе жаратыўды қəлейтуғынына мен кепиллик беремен. Оннан дəл не екенин ашып бериўин сора. Оған дистанцияда қалыўды ҳəм өзиң менен өтмиштиң жүгин алып жүрмеўди, барлық дистанцияны жолдың ақырында сый алыўың ушын жуўырып өтиўди қəлейтуғыныңды айт.
Мен өзимниң кекшиллигимнен өтмиштиң аўырлығы астында жасаўды қəлемеймен. Кеширилиўи керек ҳəмме нəрсени кешириўиме жəрдем бер. Әсиресе Сеннен өтинемен: мени… (изиңнен қатты қыйнап жүрген еслеўди ата) азат ет. Жоғалған ҳəмме нəрсени тиклеўим ушын мен Сениң қолыңа өтмишимди ҳəм оның менен байланыслы ҳəр бир адамды беремен. Мен өзиме ислеген ҳəм өзим ислеген жаман нəрсеге өкинемен. Бул басқа ҳеш ўақытта мени қыйнамасын ҳəм ҳəзирги өмириме тəсир етпесин. Мени азаплы күнлерим ушын ҳəм бахытсызлықты көрген жылларым ушын шадландыр (Заб 89:15-қа қараң). Барлық таза нəрсени жаратыўың ушын ҳəммесин жаңартатуғының ушын Саған миннетдаман (Аян 21:5-қа қараң).
Мен артқа, өткен күнлер ҳəм ески əдетлерге емес, ал алға қараўға үйрет. Ҳəзирдиң өзинде мениң өмиримде таза нəрсе жаратыўды қəлейтуғыныңды мен билемен. Талпынып атырған мақсетиме жəмлениўге жəрдем бер ҳəм Өзиң мен ушын таярлап қойған келешекке қарап жүриўге мүмкиншиликке ийе болыўым ушын өтмишимнен азат ет.
«Солай етип, ким де ким Масих пенен байланысқа ийе болса, ол — жаңа жаратылыс. Ески нəрселер өтип кетти, минекей, енди ҳəммеси жаңа болады»
«Бирақ сизлер алдыңғыны еслемейсиз ҳəм ески ҳаққында ойламайсыз. Мине, Мен тазасын ислеп атыман; енди ол келеди; буны билиўди сизлер қəлемейсиз бе? Мен саҳрада жол, шөлистанда дəрья өткеремен»
«Туўысқанлар, мен өзимди усы мақсетке жеттим деп есапламайман. Тек ғана изде қалғанларды естен шығарып, алдындағыларға умтылып атырман. Қудайдың сыйына, Оның Масих Ийса арқалы шақырған аспандағы өмирине ерисиў ушын, мен белгиленген мақсетке жетиўге тырысып атырман»
«Көзлериң туўрыға қарасын, нəзериң алға қаратылған болсын. Соқпақларыңды туўрыла, барлық жолларың беккем болсын. Оңға да, шепке де аўма, жаўызлықтан узақлас»
«Қудай олардың барлық көз жасларын сүртип таслайды. Енди өлим де, қайғы да, жылаў да, азап та болмайды. Өйткени бурынғылар өтип кетти»
ОТЫЗЫНШЫ БАП
Мениң Масихтағы қымбатлы сиңлим, мен бул бапты саған жолланған хат түринде жазып атырман. Егер сен өзиңниң келешегиң ҳаққында қəўетерленип атырған болсаң, мен сени жигерлендириўди қəледим. Усы хатты үмит пенен оқы ҳəм сениң менен сөйлесип атырған Қудайдың даўысын есит. Ҳақыйқатында бул Оның ҳəммемизге хаты.
Қымбатлы _____________________ (илтимас, бул жерге өзиңниң атыңды жаз), мен бул хаты Қудай саған уллы келешекти таярлап қойғанын еслетиў ушын жазып атырман. Мен буған исенемен, себеби Ол усылай айтты. Қудай сен ушын таярлап қойған уллы мийрасын көрмегениңди, еситпегиниңди ҳəм көз алдыңа келтирмейтуғыныңды айтады (1 Кор 2:9-қа қараң). Өзиңниң келешегиң қандай əжайып екенине сен түсиникке ийе емессең. Қудай, егер сен буны түсине алғаныңда, «ҳəзирги қыйыншылықлар келешекте бизлерге берилетуғын уллылыққа салыстырғанда ҳеш нəрсе емес» екенин сезген болар едиң деп айтады (Рим 8:18). Бул сениң өз өмириң ҳаққында ҳəзирги көзқарасың жүдə шекленгенин билдиреди.
Қудай саған үмит ҳəм жарылқаўларға толы келешекти ўəде еткени менен, ол өз-өзинен келмейди. Буның ушын да бир нəрсе талап етиледи. Бириншиден, ол ҳаққында дуўа етиў (Ере 29:11–12-ға қараң) ҳəм екиншиден, Қудайдың еркин орынлаў. Бирақ, бул ҳаққында қəўетерлениўдиң кереги жоқ, себеби Қудай саған биринши ҳəм екинши тапсырманы орынлаўға, егер бул ҳаққында Қудайдан сорасаң жəрдем береди. Мухаддес Руўх — мине бизлердиң мийрасымыздың гиреўи, Ол Қудай саған өзиңниң арналыўыңды орынлаўға ҳəм ўəде еткенин беретуғынына кепиллик береди (Еф 1:13–14-ға қараң). Ҳəр сапары дуўа еткен ҳəм бойсыныўшылық көрсеткен ўақтыңда, сен өзиңниң келешегиңе үлес қосатуғыныңды есиңде тут.
Өмиримиздиң пүткил өзгериўшеңлиги ҳəм турақсызлығына, келешегимиздиң думанласқанына қарамай, Қудай өзгериссиз қалады. Егер сен əлле қашан өтирик қəўипсизлик сезимин жоғалтқан болсаң, бул жақсы, өйткени ҳақыйқый қəўипсизликте өзиңди тек Ол тəмийинлейтуғынын түсиниўиң Қудайға унайды. Сен келешегиңниң зəрүрликлерин билмейсең, бирақ сени керекли жерге əлбетте алып баратуғын Қудай оларды билетуғынына исен. Негизинен, келешекте ўəде етилген жарылқаўларды алыўдың жалғыз усылы бүгин Қудайдың қасында жүриўден ибарат.
Мениң Масихтағы қымбатлы сиңлим, Қудайдың алдында жүриў сени жолыңдағы тосқынлықлардан азат етпейтуғынын есиңде тут. Олар ҳаққында шайтан ғам шегеди. Егер Қудайдың нийети əжайып болса, онда шайтанның жобасы жеркенишли. Бирақ, егер сен Қудайдың жолларында жүрсең, Оның ўəсиятларына бойсынып жасасаң, Оған табынсаң, Оның сөзинде болсаң ҳəм тынбай дуўа етсең, шайтанның жобасы сəтсизликке ушырайды. Бирақ, Қудайдың нийети гүрессиз жүзеге аспайды. Соның ушын аўыр ўақытларда шегинбе, бирақ ҳақыйқат бойынша ислеўди ҳəм азғырылыўларға қарсы турыўды даўам ет. Қудайдан барлық керек нəрселерди ислеўиң ушын күш ҳəм сабырлылық сора.
Келешегиң ҳаққында газеталарда оқығаның ямаса адамлардан еситкенлериң бойынша пикир айтпа. Сениң өмириң Қудайдың қолында. Соның ушын, сен келешегиң ҳаққында тек Оның не айтатуғынына қулақ асыўың керек. Келешек ҳаққында қəўетерлениўиң Қудайға унамайды, Ол сениң ойларың Өзи менен болыўын қəлейди, себеби Оның Өзи сениң келешегиң.
Қудайдың қызы екениңди ҳəм Ол сени сүйетуғынын есиңде тут. Оның жолларында жүрип, сен күн сайын Оған уқсап барасаң (1 Юх. 3:1–3-ға қараң), Оған қарап, сен «Ийемиздиң Руўхы сыяқлы, уллылық үстине уллылыққа ерисип» өзгересең (2 Кор. 3:18). Егер сен Оның ўəсиятларын орынласаң, Ол сени жетилистиреди. Солай екен, егер сениң «көринетуғын денең тозып баратырған болса да, ишки дүньяң күннен-күнге жаңаланады» (2 Кор 4:16).
Егер өмириңде өзгерислер өзиң қəлегендей тез болмаса, қапа болма. Қудай сени сабырлылыққа үйретиўди қəлейди. Бизлердиң дүньямыз ширийтуғын, ал Қудай мəңги. Соның ушын, егер дуўаларыңа қəлеген жуўапты алмасаң қапа болма. Егер сен Қудайға талпынсаң ҳəм Оның буйрықлары бойынша ислесең, егер сен Оған Руўхта ҳəм ҳақыйқатлықта табынсаң, егер сен адамларды сүйип ҳəм оларға өзиңди берсең, егер сен Қудайдың сөзин исеним менен жəриялап ҳəм дуўа етсең, онда Қудайдың жарылқаўлары саған молшылықта төгиледи.
Айырым ўақытлары бизлер Қудайдың өзлеримизден күткен қызғын дуўамызды тек айтпағанымыз себепли қəлегенимизди алмайтуғынымызға исенемен. Қудай бизлер ушын уллы нəрсени — тек дуўаға жуўап ретинде туўылыўы мүмкин болған нəрсени ислеўди жобаластырады. Қудайдан бала сорап, Аннаның қандай қызғын дуўа еткени есиңде ме? (1 Пат 1:1–28-қа қараң). Қудай оған жуўап бергенде, оның баласы туўылды. Бирақ ол əпиўайы бала емес еди. Самуел уллы пайғамбалардың ҳəм Израил тарийхындағы атақлы судьяларының бири болды. Егер Анна сондай қызғын ҳəм шын жүректен дуўа етпегенинде, бундай болмаған болар еди. Егер сен турақлы дуўа етиўде болмасаң, сениң өмириңде ҳеш нəрсе болмаўы мүмкин.
Егер сен күнделикли албыраўшылыққа батқан болсаң, егер өмириң ҳеш ўақытта өзгермейтуғындай көринсе, илтимас, бул ондай емес екенин есиңде тут. Келешекте сен ушын Қудайдың таярлағанына ерисиў имканиятыңды əлле қашан қолдан бергениңди ойлаған ўақыттағы кеўил қалыў дəўиринде — дəл усы дəўирде Қудай сениң келешегиңе ҳақыйқаттан сени таярлап атыр. Ал, ўақты келгенде, Ол жүдə тез ҳəрекет етиўди баслайды. Мақсетлериңди көрсетиўде жүдə узаққа қарама. Жақсысы Қудайға қара. «Өзин шақырған ҳəммеге, Өзин ҳақыйқатта шақыратуғын ҳəммеге Қудай жақын. Өзинен қорқатуғынлардың қəлеўин Ол орынлайды, олардың қатты даўысын еситеди ҳəм оларды қутқарады» (Заб 144:18–19).
Бир күни сен Қудай менен аспанда боласаң. Сонда Ол көзлериңнен барлық жасты сүртеди, «өлим де, қайғы да, жылаў да, азап та болмайды» (Аян 21:4). Сениң мақсетиң өмирлик жолыңның ақырына жетип: «Мен уллы саўашта гүрестим, жарысты жуўмақладым ҳəм исенимимди сақлап қалдым. Енди болса, мен ушын ҳақыйқатлық тажы тайын тур. Әдил ҳүким етиўши болған Ийемиз сол күни усы тажды маған, тек ғана маған емес, ал Оның қайта келиўин интизарлық пенен күткенлердиң ҳəммесине де береди» (2 Тим 4:7–8), — деп айтыўымыздан ибарат. Ийса: «Жүреклериңиз ғам шекпесин. Қудайға исениңлер, Маған да исениңлер. Әкемниң үйинде орын көп. Егер олай болмағанда, сизлерге айтпас едим. Өйткени Мен сизлер ушын орын таярлаўға кетип баратырман. Мен барып, сизлер ушын орын таярлағанымнан соң, сизлер де Мен болатуғын жерде болыўыңыз ушын, жəне келип, сизлерди Өз жаныма алып кетемен» (Юх 14:1–3), — деп айтты. Егер сен Қудайды сүйсең, Ол саған аспан Патшалығында мəңгилик өмирди бериўди ўəде етеди.
Соның арасында мен сениң Қудай ушын əҳмийетли нəрсе ислеўди ҳəм Оның Патшалығының даңқы ушын хызмет етиўди қəлеўиңе исенемен. Қудай өз өмирин Оған арнаўға, олардың алдында Ол қойған мақсетлерге жетиў ушын Оның жолларында жүриўге таяр ҳаялларды излеп атыр. Ол: «Бизлердиң емес, ал Сениң еркиң орынлансын», — деп айтатуғын, Оның Патшалығы ушын өзин қурбан етиўге қəбилетли ҳаялларды излеп атыр. Сен — усындай ҳаяллардың бирисең. Сен Ол: «Ўақыт болды», — деп айтқан ҳəм саған қапы ашқан ўақытта ҳəрекет етиўге таяр болыўың ушын дуўа етемен. Тек ҳақыйқат бойынша ислеўди даўам ет ҳəм буны ҳəммесинен аз күткен ўақтыңда, сен Қудайдың шақырығын еситесең ҳəм Оның сениң алдыңа қандай мақсетти қойғанын түсинесең.
Маған тынышлық, келешек ҳəм үмит бериўди қəлейтуғыныңды билемен (Ере 29:11-қа қараң). Мени қутқарғаныңды ҳəм ислерим бойынша емес, «ал Өз мақсети ҳəм мийрими менен» мухаддес шақырық пенен шақырғаныңды билемен (2 Тим. 1:9-қа қараң). Мухаддес Руўх, бəрҳа мениң менен бирге болғаның ҳəм жолдан адаспаўым ушын алға қарай алып баратуғының ушын Саған миннетдарман.
Қудайым, көплеген адамлар Саған мүрəжат етип ҳəм Сени излеўи ушын Саған жемисли хызмет етиўиме жəрдем бер. Қудайым, керекли ўақытта мени көтеретуғыныңды билип, Сениң беккем қолыңның астында бойсынаман. Саған өзимниң барлық машқалаларымды беремен, себеби маған ғамхорлық ететуғыныңды ҳəм мениң жығылыўыма жол қоймайтуғыныңды билемен (1 Пет 5:6–7-қа қараң). Бүгин Сениң мен ушын таярлаған келешекке Сениң менен бирге барыў ушын қолыңнан услайман.
«Себеби келешек ҳəм үмитти бериў ушын, тек Мен сизлер туўралы ийе болған нийетлеримди жаманлыққа емес, ал жақсылыққа болғанын билемен деп айтады Қудай. Маған келесизлер ҳəм барып, Маған дуўа етесиз ҳəм Мен сизлерди еситемен; ҳəм Мени излейсизлер ҳəм табасыз, егер Мени пүткил жүрегиңиз бенен излесеңиз»
«Жаратқан Ийениң үйинде ол тамыр жаяды, Қудайымыздың атызында гүллейди. Жасы үлкейгенде жемисин береди, мазалы ҳəм таза болып қала береди»
«Өйткени мен исенемен: өлим де, өмир де, периштелер де, ҳəкимшиликлер де, ҳəзирги ҳəм келешек заман да, күшлер де, бəлентлик те, тереңлик те, улыўма, жаратылған ҳеш бир нəрсе Қудайдың бизлерге Ийемиз Масих Ийса арқалы берген сүйиспеншилигинен бизлерди айыра алмайды»
«Ҳақ адамның жаны таң нуры сыяқлыдур, Күндизге дейин жақтылығы күшли болар»
«Тур, нурлан, Ерусалим, себеби сениң нурың келди ҳəм Қудайдың даңқы сениң үстиңде. Себеби мине, қараңғылық жерди ҳəм тас түнек — халықларды қаплайды; ал сениң үйиңде Қудай жарқырайды ҳəм Оның даңқы сениң үстиңде пайда болады»
ЕСКЕРТПЕЛЕР
1
Гəп С. Омартианның «Дуўа етиўши миллеттиң күши» атлы китабы ҳаққында. —
2
Lisa Bevere.
3
Иегова-ире — Қудай қарастырады.
4
Рус синодал Мухаддес Китапта: «…ҳəм апатшылық ҳаққында өкинеди» —
5
Рус синодал Мухаддес Китапта «…басқа халықлардың ислейтуғыны сыяқлы». —
6
Рус синодал Мухаддес Китапта «даналық». —
7
Рус синодал Мухаддес Китапта: «Демек, Қудайдың халқы ушын шемби күни келеди». —