Бул китаптың авторы, көбинесе, ҳаяллардың қандай өтирикке исенетуғынлығы ҳаққында айтады. Бул китап алжасыўдан азат болыўға ҳәм дәўлетли өмирди саўға ететуғын ҳақыйқатлықты оларға еслетеди.
Нэнси Демос
ҲАЯЛЛАР ИСЕНЕТУҒЫН ӨТИРИК ҲӘМ АЗАТ ЕТЕТУҒЫН ҲАҚЫЙҚАТЛЫҚ
Ҳақыйқатлықтың әҳмийетин ҳәм күшин түсинетуғын ҳәм маған өтириктиң түрлерин билиўди үйреткен мениң анама арналады.
МИННЕТДАРШЫЛЫҚ
Қәлеген әҳмийетли жумыс сыяқлы, бул китап — көплеген адамлардың биргеликте ислеген мийнетиниң жемиси. Мен бул китаптың жаралыўына жәрдем берген қәдирли досларым ҳәм кәсиплеслериме миннетдарман.
Мен мына адамларға айрықша рахметимди айтаман:
Ақырында — қымбатлы Ийса Ийем, Саған өзимниң миннетдаршылығымды билдириў ушын мәңгилик те жетпейди. Сен мени азат ететуғын Ҳақыйқатлықсаң ҳәм мен Сени шын жүрегимнен сүйемен!
АЛҒЫ СӨЗ
Нэнси Лей Демосс, ҳаяллардың елеслери ҳәм алжасыўлары, үмитлери, қорқынышлары, әўметсизликлери ҳәм қапашылықларының түпкирин изертлеўге батылы барған қыйыншылықты бөлисе алатуғын ҳәм терең ойшыл ҳаял. Егер отыз жыл алдын шамасында бизлерге келген ызғыған өтирик көз-қараслар, яғный, «ҳәммеси сениң қолыңда», «аяныштың қармағына түспе», «бизлер еркеклердиң қолынан келген нәрсени ислей аламыз, ҳәтте, олардан да жақсырақ» … ҳ. т. б. болмағанда, булардың көбиси жоқ болар еди.
Әлбетте, бул өтирик алдынырақ пайда болды. Биринши еркек болған Адам-атаға Қудайдың берген ҳаялы, Азғырыўшының: Ҳақыйқаттан Қудай … айтты ма? — деген сөзин тыңлады. Ҳаўа-ене Бағдағы жыланның айтқанын қылды. Күйеўи өтириктиң кейинги тәсиринен ҳаялын қорғамады, ал өзиниң минез-қулқы менен: «Егер ол буны қәлесе, сондай болсын», — деп айтты. Нәтийжеде дүньяға гүна кирип келди, ал гүна менен болса-өлим. Ҳаўа-ене өзине тийислисинен бас тартты ҳәм өзине берилмеген нәрсени ийеледи. Негизинде ол: «Мениң ерким болсын», — деп айтты.
Өтелиў бар болғанына Қудайға шүкир. Назаретли бойсыныўшаң аўылдың қызына периште таң қаларлық хабар алып келди: Мариям Қудайдың Улының анасы болады. Ол жүдә тынышсызланған еди, бирақ солай болса да: «Мине, маған Қудайдың қулына, — деп жуўап берип, — сениң сөзиң бойынша болсын», — дегенди қабыллады.
Бул әҳмийетли китапты оқыған ўақтыңызда, Мухаддес Руўх сизлерди басқарыўы ушын дуўа етемен. «Ҳақыйқый қутқарылыўдың негизи, — деп жазады автор, — тәўбе етиў ямаса жақсы ислер ислеўде емес; ол — адамның өзгериўинде: „Ким Масихта болса, ол жаңа жаратылыс, ески нәрселер өтип кетти, енди ҳәммеси жаңа болады!“».
КИРИСИЎ
Едем бағынан қуўылған, ҳайўанлардың терисинен кийим кийген, ғәзепленген күйеўи менен бирге, биринши өлтирилген баланың анасы ҳәм оны өлтириўшиниң келешектеги анасы болыў, — бәлким, Ҳаўа-ене өзин бахытсыз сезген шығар.
Жалғыз.
Жеңилген.
Әўметсиз.
Бәлким, Адам-ата менен бирге Едемнен шығыстағы ҳәттеки жасаў қыйын болатуғын дүньяға кетиў қыйын болған шығар. Бейиште жасап, ал кейин оны таслап кетиў қандай қыйын!
Сол ўақытта Ҳаўа-ене ҳәммесинен көбирек нени қәледи?
Ҳаўа-ене жақсылық ҳәм жаманлықты билиў терегиниң шақасына қолын созбаған, қадаған етилген жемисти тислемеген ўақытты қайтарыўды ҳәм ақыбети жақсы болыў мүмкиншилигин шын жүректен қәлегенине мен исенемен.
Ҳәммесин изге қайтарыўды, шешимин өзгертиўди, дурыс ислеўди қәлеўи, оны қыйнады.
Бизлер Ҳаўа-енеге уқсаймыз.
Бизлердиң ҳәммемизде де өзлеримиздиң жеңилисимиз, әўметсизлигимиз, қайғымыз ҳәм аўырыўларымыз болған.
Бизлер ҳәммемиз өзлеримизди ойлаўды қәлеў, ашыўшақлық, ғәзеп, қызғаныш ҳәм қайғыны бастан өткердик.
Бизлердиң айырым жеңилислеримиз, бәлким, онша қорқынышлы емес шығар. Олар барлық адамлардың өмирине тәсирин тийгизетуғындай апат алып келген жоқ. Бәлким, булар әпиўайы «майда» қәтелер шығар. Бирақ, солай болса да, олар бизлерге жүрегимиздиң минсизликтен қаншелли узақ екенин ашып береди. Бизлер ҳәммесин бастан баслаўды, келисимлик ҳәм тынышлықта жасаўды қатты қәлеймиз.
Ҳәр бир конференцияда мен ендиги ҳәптеге шекем дуўа етиў топарына бериў ушын ҳаяллардан дуўа етиў илтимасларын жазыў карточкасын толтырыўды илтимас етемен. Конференциядан кейин мен бул карточкаларды үйге алып кетип, оларды оқыйман. Мен көп мәрте усылардың үстинде жылағанман ҳәм өмирлери бузылған сиңлилерим ушын жүрегим қыйналатуғын еди.
Некеси қыл үстинде турған ҳаяллар ушын…
Балалары ушын жүреклери қыйналатуғын ҳаяллар ушын…
Өтмишиниң жеңилислерин, жараларын умыта алмай атырған ҳаяллар ушын…
Өз-өзи менен қатаң гүрес алып барып атырған ҳаяллар ушын…
Руўхый өмиринде гүманларға толған ҳаяллар ушын…
Бул ҳаяллар бизлердиң қасымызда жасайды. Олардың тарийхы — бул бизлердиң тарийхымыз. Олардың көпшилиги өмир бойы ибадатханаларға барады. Айырымлары сизлердиң ибадатханаңызға барады. Олардың бири сизиң балаңыз оқыйтуғын екшембилик мектебиниң муғаллими болыўы мүмкин. Басқалары ҳәр ҳәптеде Мухаддес Китапты үйрениў сабақларына қатнасады — олар бул сабақларды өткереди де. Көпшилик жағдайларда сизлер олардың ишки гүреси ҳаққында биле алмайсыз. Егер сизлер олардың аўҳалын сорасаңыз, олар тек күлип: «Жақсы», — деп айтады.
Бул китапты жазыўға усындай ҳаяллардың ўақыялары ийтермеледи.
Илтимас, булар айрықша гүўалықлар емес екенлигин түсиниң. Мен басқаларға уқсамайтуғын «кемшиликлери» бар ҳаяллар ҳаққында сөз етип атырғаным жоқ. Мен усыған уқсас көплеген ўақыяларды оқыдым ҳәм еситтим, олардан өз алдына китап дүзиўге болар еди.
Бизлердиң жәмийетимиз «руўхый аўырыўлардың» тарқалыўын бастан өткерип атыр — бул тек исенбейтуғын ҳаялларда емес, ал арамыздағы исениўшилерде де болады.
Егер кейинги жыллары ушырасыўға туўра келген масихшы ҳаяллардың көпшилигин сүўретлеў маған туўра келсе, онда мен төмендеги сөзлердиң бир нешесин таңлар едим:
Бәлким, сизлер қәлеген ибадатханада өзин өлтириўди ойлаған ҳаяллар қанша көп екенин билип таң қалатуғын шығарсыз. Араңызда усы абзацты оқыған биреўиңиз өмирдиң шегинде турғаныңызға гүманым жоқ. Бәлким, бул сиз. Бәлким, сиз енди жасаўдың кереги жоқ деген сезимде шығарсыз. Қымбатлы сиңлим, сизге мынаны айтыўға рухсат етиң: «
Көпшилик ҳаяллар жеке өтмишиниң қуллығында. Жеке ямаса басқа адамлардың жеңилислериниң қандай болыўына қарамастан, усы өтмиш олардың мойнында аўыр тастай асылып турады ҳәм олар оны өзи менен өмир бойы алып жүреди.
Айырымларын Мухаддес Китапта аталатуғын «адамлар алдындағы қорқыныш» қыйнайды. Олар қабыл алынбаўшылықтан қорқыўдың қоршаўында, адамлар не ойлайтуғыны ҳәм қабыл етилиў тилегиниң қоршаўында. Және де, қәўетер, қорқыныш, ғәзеп, бас аўырыў ҳәм өзин аяў сыяқлы жеке сезимлердиң қуллары да бар.
Ҳаялларда кең тарқалған қуллық тараўының бири — бул азық. Буны мен түрли формадағы ҳәм көлемдеги ҳаяллардан еситтим. Айырымлары тоқтай алмай, бәрҳә жейди, басқалары — өзлерин жеўге мәжбүр ете алмайды. Екеўи де қуллықта.
Мен ҳаяллардың ҳәммеси усындай ҳәлсизликлерден қыйналады деп айтажақ емеспен (солай болса да арамызда ҳәр биримиз өзлеримизди анаў ямаса мынаў тайпаға киргизиўимиз мүмкин). Бирақ, мен мына ҳақыйқатлықты көзде тутып отырман, толығы менен масихйы ҳаяллар үстиртин шешим ҳәм жуўапларға қарағанда шешимге көбирек нәрсе талап етилетуғын қәўипли ўақытты бастан өткерип атыр.
Бизлер Мухаддес Жазыўға қарағанымызда, бизлерге Қудай бундай өмирди таярлаўды ойламағанын көремиз. Бизлер Юхан жазған Хош Хабарда Ийсаның Сөзлерин оқып, бизлер ушын Қудайдың беретуғын жақсырақ нәрсеси бар екенин билемиз:
Бирақ Мен олар өмирге ийе болыўы ушын, дәўлетли өмирге ийе болыўы ушын келдим.
Сизлер Ийса бериў ушын келген усы дәўлетли өмирге ийемен деп айта аласыз ба? Ямаса сизлер тек тиришилик қылыў ушын ҳәрекет етип жасап атырсыз ба?
Мен сизлерден машқалаңыз бар ма деп сорап атырған жоқпан. Мен билетуғын айырым өмирди сүйетуғын жарқыраған ҳаяллар, некеде жүдә аўыр ҳәм аўырманлы ҳалда жасап атырған ямаса олар қызының ямаса баласының қәбиринде жылаған болады; басқалары рак пенен аўырған ямаса қартайып аўырған ата-аналарына ғамхорлық етип атыр. Бирақ, усы машқалалардың ҳәм аўырыўлардың ишинде қалай да болса олар өзлери ушын өлим саясы бар ойпатлықта исенимли ҳәм тыныш жүриўге жәрдем беретуғын өмир булағын ашты.
Ал сиз ше? Өмириңиздиң еркин емес усындай тараўлары сизде бар ма?
Аянышлы, бахытсыз, ерксиз болыўдың орнына сиз:
Усындай ҳаял болыўды әрман етесиз бе?
Бәлким, сиз өмириңизде Қудайдың жарылқаўын ҳәм тынышлығын әлле-қашан сезип атырған шығарсыз. Шынында, сиз Масихты билетуғын, бирақ бәри — бир қуллықта жасап атырған ҳаялларды танырсыз. Оларға азатлық жолын қалай көрсетиўди билгиңиз келе ме?
Мен барлық аўырыўларды емлей алатуғын дәриниң рецепти ҳаққында айтып атырған жоқпан, мен жеңил өмирге қысқа жолды усынып атырғаным жоқ ҳәм аўырыўлар ҳәм қыйыншылықлар жоқ болады деп ўәде етип атырғаным жоқ. Өмир қыйын — буның менен ҳеш нәрсе ислей алмайсаң. Мен өмирде болатуғын қабыл етилмеўшилик, жоғалтыў, кеўил қалыў, жара ҳәм өлимнен де қалай еркин ҳәм қуўаныш пенен
Сизлер: «Мен тап соны қәлеймен! Мен буны өзиме ҳәм басқаларға қәлеймен. Мен неден баслаўым керек?» — деп айтасыз.
Ҳаяллардың машқала ҳәм аўырманлықларын бастан кеширген, Қудайдың сөзинен жуўап излеген жыллары мен көпшилик апатлардың ҳақыйқый тамырын таптым:
Мен сизлерди машқаламыз басланған жерге: Едем Бағына, Адам-ата ҳәм Ҳаўа-енениң биринши үйине, минсиз ҳәм мүлтиксиз орталыққа қайтыўға мирәт етемен. Сол ўақыттағы болған ўақыя бизлердиң бүгинги өмиримизге сөзсиз тәсир етеди.
Мен сизлердиң,
Әдеттегидей, бир өтириктиң орнында, пүтин бир өтириктиң тармағы пайда болды. Ҳаўа-ене өтирикке исенди ҳәм бизлер Ҳаўа-енениң қызлары да оның изинен ердик. Бизлер өтирикти из — изинен еситемиз ҳәм оларға исенип, оларға сай ҳәрекет етемиз. Ҳәр бир баптың басында ядтан шығарылған «Ҳаўа-енениң күнделиги»нен үзинди келтирилген. Бәлким, бул өмириниң түрли басқышларында Ҳаўа-енениң исенген өтириклери ҳаққында пикирлеў шығар. Бәлким, оның күнделиги сизикине уқсайтуғын шығар?
Түрли дәўирлердиң ҳаяллары бастан кеширген өтириклердиң барлық түрин санап өтиў мүмкин емес. Бирақ, олардың айырымларын заманагөй масихый-ҳаяллар тез қабыл етип алады. Мениң мақсетим — бул китапта өтирикти әшкаралаў ҳәм оның ҳақыйқый тийкарын көрсетиў. Олардың айырым түрлери соншелли тарқалғанлықтан, оларды билиў қыйын. Бирақ, «жақсы» өтирик — бул ҳақыйқатлыққа жүдә уқсайтуғын өтирик. «Таза» өтирик — бул ең ески өтирик.
Мениң мақсетим масихый-ҳаяллардың арасында тарқалған айырым өтириклерди ашыўдан ғана ибарат емес, ал олардың авторларынан нықапты алып таслаў. Шайтан өзин «нурдың периштеси» етип көрсетеди (Коринф 2-хат 11:14 — қа қараң). Ол бизлерге бахытты ўәде етеди ҳәм бизлердиң пайдамызға ҳәрекет етип атырғандай көринисте болады. Бирақ, ол өтирикши ҳәм бузғыншы; оның мақсети — бизлердиң көмегимизге исенип, жүрегимиздеги тахттан Қудайды алып таслаў. Мен сизге ҳәм сизге жақын адамларды алдаў ҳәм жоқ қылыў ушын шайтанның сизиң өмириңизде пайдаланған ең нәзик өтиригин (ямаса ярым ҳақыйқатлық) көрсетпешимен.
Бирақ, өтирикшини ҳәм оның өтириклерин әшкаралаў жеткиликли емес. Мен сизлерге ҳақыйқатлықтың күшин көрсетким келеди, ҳақыйқатлыққа тийкарланған исеним, өмир тиришилик қылыў ушын емес, ҳақыйқатлықтан қашыў емес, ал қулаған, бузылған, ҳәсирет шегип атырған бул дүньяда әжайып еркинликке алып келеди.
Усы ҳәптениң басында мен Мухаддес Жазыўдың бир неше үзиндилери үстинде ойланып, көшеде айланып жүргенимде, Қудай жүрегиме Яқыптың хатының соңғы еки аятын салды:
Ҳәй, туўысқанларым! Араңызда бир адам ҳақыйқатлық жолынан адасса, бириңиз оны ҳақыйқатқа қайтарсаңыз, билсин, бир гүнакарды надурыс жолдан қайтарған адам бир жанды өлимнен қутқарған ҳәм көп гүналарды жуўған болады.
Усы үзиндиде Қудай маған усы китаптың жазылыў мақсетин ҳәм мәнисин көрсеткенин мен дәрҳал түсиндим. Миллионлаған масихый-ҳаяллар алданған ҳәм ҳақыйқатлықтан шетленген. Мен олардың айырымларын шыпалап, тутқыннан алып шығып, Қудайдың жарылқаўы, кешириминде жүрип ҳәм дәўлетли өмирге ийе болыўы ушын Қудайдан усы китапты пайдаланыўды сорадым.
Мениң айырым сөзлерим сизлерди ашыўландырыўы мүмкин. Мен мүләйим ҳәм жумсақ болыўға ҳәрекет те етпедим. Мениң алдымда сизлер қоллайтуғын бир неше жақсы пикирлерди жазыў мақсети турған жоқ. Мениңше тек шешиўши хирургиялық араласыў, яғный, бизлердиң ойлаўымызды үзил-кесил өзгертиў, жүрек аўырыўлардың тамырын жулып, бизлерди шыпалай алады. Айырым ўақытлары ҳақыйқатлық аўырыў келтиреди — ол тек анда-санда ғана қәлегенимиздей болады. Бирақ, мениң сизлерди азат ететуғын ҳақыйқатлық пенен бөлиспеўим әдалатсыз ҳәм жаўызлық болар еди.
Мине, ҳақыйқатлықтың күши ҳаққында гүўалық беретуғын еки ўақыя.
Бул жеке әңгимелесиўде жас некели ҳаялдың өмиринде Қудайдың қалай ҳәрекет етип атырғанлығы ҳаққында маған айтқан сөзлери. Ол он үш жасынан берли жаман әдетлердиң тутқынында болғанын айтып берди.
Бул ҳаял көп жыллардан берли Масихқа исенеди. Күйеўи менен бирге олар хызметте белсенди қатнасады. Оның жүреги ҳақ ҳәм ол Қудайға унаўды қатты қәлейди, ол Масих ҳаққында көп гүўалық береди ҳәм адамларға хызмет етеди. Бирақ, ол кеўил қалыўшылықтан ҳәм үлкен айыплы сезиминен ҳеш қутыла алмады.
Кейин ол жанлы түрде сөйлей баслады ҳәм өзи қәлеген еркинлигин қалай алғанын айтып берди:
Оннан кейин болған ўақыяны гүўалық етип атырғанда, оның жүзи жарқырап турды. «Соннан берли мен өзимди қатты услап турған гүнадан азат болдым. Соның менен бирге, Қудай өткен өмиримде болған азғырылыўларды жеңиўге жәрдем берип атыр. Мен қандай қуўаныш ҳәм еркинликти сезип атырғанымды сөз бенен айтып жеткере алмайман. Ҳақыйқатлық жүдә күшли!», — деп айтты ол.
Мен басқа бир ўақыяда да ҳақыйқатлықтың күшиниң гүўасы болдым. Бизлер ибадатханасының пасторын жақсы көрип қалған бир ҳаял менен сөйлестик. Мен бул жағдайды билгенимде оның жумысына қоңыраў қылдым, себеби буны оның күйеўи билетуғынына исенимли емес едим. Ол хаткер болып ислегенликтен, бизлер жумыс телефонын көп ўақыт бәнт ете алмайтуғын едик. Өзимниң атымды айтып, мен дәрҳал иске өттим. Мине, оған қандай көринисти сүўретлеп бердим:
«Егер мен түн ярымында айнадан қарағанымда қонсы үйдиң жанып атырғанын көрсем, мен жуўырып шығып, оларды оятып, жанып атырған үйден шығарыў ушын қолымнан келген нәрсени ислер едим. Егер керек болса, мен бар даўысым менен бақырып, қапыны қатты урар едим. Мен олардың өзлерин түнниң ярымында оятқаныма қалай қарайтуғыны ҳаққында ойламаған болар едим. Мен олардың сезимине тийгениме ямаса қопал ҳәрекет еткениме ҳеш қәўетерленбес едим».
Кейин мен ол ҳаялға: «Еслетип өтиўим керек, сиз сол жанып атырған үйдесиз ҳәм сиз қәўиптесиз. Бул аянышлы жағдай болғаны ушын сизиң мен ҳаққында не ойлайтуғыныңыз ямаса сизиң кеўлиңизге тийетуғыным ҳаққында қәўетерленбеймен. Мен сизди кеш болмасынан бурын алдын алып, жанып турған үйден алып шығыў ушын қолымнан келгенин ислеймен», — деп айттым.
Мен бул ҳаялдан көзиме жас алып оның өмиринде ҳақыйқатлықтан не жүз берип атырғанын түсиниўин өтинип сорадым. Ол өзине түсиўге мүмкиншилик берген сол қәўипли жағдайдан шығыў ушын тез шешиўши илаж қабыллаўын сорадым.
Бизлердиң сөйлесиўимиз ўақтында Қудай сол ҳаялдың жүрегине Өзиниң нурын жақты. Кейинги күнлерде не жүз берип атырғанын өзим түсиндире алмайман — «Себеби Өзине унаған ислерди қәлеўиңиз ҳәм ислеўиңиз ушын Қудайдың Өзи сизлерге түртки салады» (Филип 2:13). Усы қәдирли сиңлимниң дурыс шешим қабыллағанын ҳәм өзиниң өмирине, некесине ҳәм адамлар менен қатнасына деген Қудайдың еркин қабыллағанын көриў қандай қуўаныш. Ол қыйын адымларды из-изинен атлағаны ушын, сезимлери, ески әдетлери, терең жайылған (бирақ өтирик) пикирлердиң көринисине қарамай алға барыўға Қудайдың жарылқаўы оған күш берди. Ол және нурда жүре баслады ҳәм сол жерде ол таза жолды — еркинлик ҳәм жарылқаў жолын тапты.
Ҳақыйқатлық усындай ҳәм мен, қәдирли оқырман, оның сизиң өмириңизде болыўын қәлеймен.
Сизлер менен бирге атланатуғын саяхатымыз әпиўайы емес. Көбинесе, сизлер қуллығына түсип қалған өтириктиң тамырын табыў жүдә аўыр болып келеди. Бирақ, мен сизлерди жүдә жақсы көретуғын, өмирин сизлер ушын берген ҳәм сизлерди қолына алып, егер сиз Оған рухсат етсеңиз, жасыл отлаққа ҳәм тынық суўларға алып баратуғын «Мийримли Шопанды» билемен.
Масих бизлерди еркин өмир сүриўимиз ушын азат қылды. Сонлықтан, беккем турыңлар, өзлериңизге қайтадан қуллық мойынтырығын салыўға жол қоймаңлар.
Ҳәй, шаршап, аўыр жүк басқанлар, ҳәммеңиз Маған келиңлер! Мен сизлерди рәҳәтлендиремен. Мойынтырығымды салып, Меннен үйрениңлер: өйткени Мен мөмин ҳәм кишипейилмен. Солай етип, кеўиллериңиз тынышлық табады. Мен берген мойынтырық ыңғайлы, жүгим жеңил, — деди.
I–БӨЛИМ
КИРИС БӨЛИМИ
ПРОЛОГ
БИРИНШИ БАП
ҲАҚЫЙҚАТ… ЯМАСА АҚЫБЕТИ
Бизлердиң жәмийетимиз өтирикке толған. Ол ҳәмме жерде бар ҳәм буның дәлийли ретинде рекламадағы биймәни жәриялаўларды айтсақ болады. Айырым ўақытлары өтирикти аңсат көриўге болады (мысалы, 10 минуттың ишинде 3 килограммға азыўыңыз мүмкин деп исениў). Бирақ, тилекке қарсы, көплеген өтириклерди ашыў бундай әпиўайы болмайды.
Рекламадағы өтирик адамлардың тәбийий қәлеўлерине шақырады. Бизлер, ҳақыйқаттан да, зыят килограммның 10 минут ишинде қандай да бир ғайры тәбийий түрде жоқ болып кетиў мүмкинлигине исенгимиз
Мақсети Адам-ата менен Ҳаўа-енениң пикирин өзгертиў болған ҳийлекер сатыўшы биринши реклама компаниясын шөлкемлестирди. Шайтан Қудай менен Оның жаратылыслары арасында дийўал тиклеўге талпынды. Ол ҳаял менен еркектиң, Қудайға қарата ашық қарсы шығыўын қолламайтуғынын дурыс шамалады. Ол өтирикти тоқып, оларға ақыллы, керекли ҳәм Қудайдың тастыйықлаўларына ашық қарсылық болмайтуғындай етип оларды алдап, басын айландырыў керек екенин билди.
Шайтан Ҳаўа-енени ҳақыйқатлық астында жасырынған таза өтирик, ярым ҳақыйқатлық ҳәм өтирик пенен алдады. Ол Қудайдың ҳақыйқаттан не айтқанына оның ойына гүман егиўден баслады («Қудай расында да… айтты ма?», Жарат. 3:1).
Кейин ол оны Қудайдың сөзлерин менсинбеўге ҳәм Қудайдың айтпаған нәрсесине исениўге мәжбүр етти. Қудай былай деди: Бул теректиң жемисин
Шайтан Ҳаўа-енени алдады ҳәм Қудайдың жарылқаўы, сүйиспеншилиги ҳәм жақсы ҳәрекетлерине гүманланыўға мәжбүр етти. «Қудай расында да: «бейиштеги ҳеш бир теректен жемең»-деп айтты ма?» — деп сорады ол. Тексттиң жасырын мәниси мынадай: «Қудай сизлердиң еркинлиниңизди қалай шекледи?! Ол сизлердиң бахытлы болыўыңызды қәлемейтуғынға уқсайды!».
Ал ҳақыйқатлығында, Қудай: «Бағдағы барлық теректен жейсең, бирақ жақсылық ҳәм жаманлықты билиў терегинен жеме…», — деп айтты.
Бирақ бизлердиң Қудайымыз — сақый Қудай.
Қудай үлкен Бағда тек бир қадаған етилген белгини қойды: «Жақсылық ҳәм жаманлықты билиў терегинен жеме». Оннан басқа, Қудай Адам-ата ҳәм Ҳаўа-енениң мәпи ҳәм олардың мәңгилик жарылқаныўы ҳәм бахтының гиреўи болып хызмет етиўи ушын жалғыз шеклениўди орнатты. Қудай олардың бул теректен жегенде өлетуғынын; олардың Өзи менен қатнасының бузылыўын; олардың шайтанның, гүнаның ҳәм өзлериниң қулы болатуғынын билди.
Кейин Жылан Қудайға билип турып бойсынбағанының ақыбети ҳаққында айтып, Ҳаўа-енени алдады. Қудай: «…оны тислеген күниң, өлим менен өлесең» — деп айтты (Жарат 2:17). Шайтан қарсы шығып: «
Шайтан қадаған етилген жемисти жесең, көп жарылқаў беремен деген шәртти усынып, Ҳаўа-енениң басын айландырды (Жарат 3:5 — қа қараң). Ол оған алдыңда билим ҳәм тәжирийбениң барлық дүньясы ашылады деп ўәде берди («сизлердиң көзлериңиз ашылады»). Ол оған Қудай менен теңдей боласаң, яғный, өзиң қудай боласаң деп исендирди («сизлер қудайдай боласызлар»).
Ақырында, ол өзи нениң жақсы, нениң жаман екенин шеше алатуғынын ўәде етти («жақсы ҳәм жаманды билетуғын»). Қудай Адам-ата ҳәм Ҳаўа-енеге нениң жаман ҳәм нениң жақсы екенин әлле-қашан түсиндирген еди. Бирақ, шайтан негизинде: «Бул Оның пикири; сен өзиңниң жеке пикириңе ийе болыўға ҳақлысаң, — сен нениң жақсы ҳәм нениң жаман екенин өзиң шеше аласаң» — деп айтты.
Шайтан Ҳаўа-енени Қудайдың ерли-зайыплыларға айтқан сөзлерине қарсы келетуғын: көргенлериниң, сезимлери ҳәм ақылының айтқанларының тийкарында шешим қабыллаўға мәжбүр етип алдады.
Ҳаял ағаштың қасына барып, жемисиниң жеўге жақсы ҳәм көз тартарлық сулыў екенин және өзин ақыллы етиўге қызықтырып турғанын көрип, жемисти алып, жеди…
Ҳаўа-ене жемисти тиследи. Бирақ, ўәде етилген жақсылықлардың орнына уят, айып, қорқыныш ҳәм алыслаўды сезди. Оны алдады — ол алданды.
Пуританлы пастор Томас Брукс былай деп жазады:
Шайтан жақсырағын ўәде етеди, бирақ жаманын береди; ол абройды ўәде етеди, ал уятты береди; ол рәҳәтлениўди ўәде етеди, ал аўырыўды береди; ол пайданы ўәде етеди, ал жойтыўды береди; ол өмирди ўәде етеди, ал өлим береди.
Сол күннен берли шайтан өтириги менен бизлердиң әдетлеримизди өзгерткиси, бизлердиң таңлаўларымызға тәсир еткиси ҳәм өмиримизди бузғысы келеди. Усы дүньядағы бизлердиң барлық машқаламыз — бул өтириктиң жемиси, әпиўайы надурыслыққа исениўдиң жемиси.
Шайтан бизлерди әжайып келешекли «ҳақыйқый өмир» менен өзине тартады; бирақ соның менен бирге, оның усынысына қулақ асқанлар, набыт болады (Нақ. мақ. 14:12 — қа қараң).
Солай екен не ушын бизлер оның өтиригине берилемиз? Не ушын бизлер қақпанға түсемиз? Буның себеплериниң бири, әдетте шайтанның жылан түринде келмеўинде. Ол бестселлер, атақлы журнал, фильм, теле көрсетиў ямаса хит — парадтың қосықлары менен жасырынады. Ол шын жүректен мәсләҳәт беретуғын туўысқанымыз ямаса достымыз арқалы, шыпакер ямаса масихый жазыўшы, ўазшы ямаса қәўендер ретинде бизлерге мүрәжат ете алады.
Тиккелей деректен бийғәрез түрде ҳәр Қудайдың сөзи менен туўра келмейтуғын мәсләҳәтти алғанымызда, бизлер шайтанның алдаўға ҳәм зыян келтириўге урынып атырғанына исениўимизге болады. Бизлердиң оқыған ямаса еситкенимиз бизге дурыстай көриниўи мүмкин, бирақ егер Қудайдың сөзине қарсы келсе бул дурыс емес. Қадаған етилген усындай пискен ҳәм мазалы жемис бизлерге бәрҳа өлим ҳәм бузылыўды алып келетуғынын көре алғанымызда еди.
Өтирик шайтанның шеберлигиниң тийкарғы бөлеги еди ҳәм ҳәзирге шекем сондай. Ийсаның сөзи бойынша өтирик сөйлеў шайтан ушын тәбийий, бул оның тәбияты:
Сизлер өз әкеңиз шайтаннасыз, сизлер оның тилеклерин орынлаўды қәлейсизлер. Ол (шайтан) бастан — ақ адам өлтириўши еди. Ол ҳақыйқатлық тәрепинде турмаған, өйткени онда ҳақыйқатлық жоқ. Ол өтирик сөйлеген ўақытта, өз тәбиятына тән сөйлейди. Себеби ол өтирикши ҳәм өтириктиң әкеси.
Бизлер толық түсине алмайтуғын себеплерге байланыслы, шайтан өзиниң нышаны сыпатында дәл ҳаялларды таңлаған. Жаңа Келисимде елши Павел атап айтқанда ҳаялдың алданғаны ҳаққында еки мәрте айтады: «…жыланның Ҳаўа-енени ҳийлекерлик пенен алдағанындай…» (Коринф 2-х 11:3); «…Адам-ата емес, ал ҳаял алданып, гүна иследи…» (Тимофей 1-х 2:14).
Айырым уламалар Ҳаўа-енениң негизинен ҳәлсиз болғанын, өзиниң тәбиятына бола азғырылыў ҳәм қызығыўшылыққа тартылғанын шамалайды. Басқалардың шамалаўынша, Қудай оны күйеўине бойсындырғанлықтан, оны бул руўхый қорғаныўдан шыққаннан кейин, алдаў аңсат болған.
Солай болса да, бизлер, ҳаяллар, шайтанның өтиригине тартылғанымыз анық. Есиңизде ме, ол еркекке алдын жақынлаўға да ҳәрекет еткен жоқ; ол биле турып ҳаялға жақынлады ҳәм оны қызықтырды. Дәл ҳаял өзиниң күйеўин гүнаға алып келди ҳәм олар бирге пүткил адамзатқа гүна алып келди (солай болса да ақырында ҳәммесине Адам-ата бас болғаны ушын жуўап берди). Мен ойлайман, ҳәзирге шекем шайтанның ҳаялды қызықтырыў мақсетинде жүргени бийкарға емес екенин түсиниў әҳмийетли. Бул оның стратегиясының бир бөлеги. Ол, егер бизлер, ҳаяллар, оның өтиригине исенсек, онда әтираптағы еркеклерге тәсир ететуғынымызды ҳәм бизлердиң гүналы таңлаўымыз келешектеги әўладқа үлги болатуғынын биледи.
Айырым ўақытлары, Ҳаўа-енениң ўақыясы сыяқлы, шайтан бизлерди ашық алдайды. Бирақ, көбинесе ол қызықтырыў қуралы ретинде басқа адамларды пайдаланады.
Ефеслилерге жазылған хатта Павел: «Ҳеш ким сизлерди өтирик сөзлер менен алдамасын…» (Ефес 5:6), — деп алдын ала ескертеди. Ол Қудайдың халқын бир-бирине ҳақыйқатлықты айтыўға қайта — қайта шақырады. Егер бизлер бир-биримизге ҳақ болмасақ, онда ҳақыйқатлығында оның елшиси сыяқлы бир-биримизди алдап ҳәм бузып шайтанға хызмет етемиз.
Мухаддес Жазыўда, Қудайдың отарын бағыў жуўапкершилиги исенип тапсырылған ҳәм Қудайдың халқына ҳақыйқатлықты беретуғын руўхый жетекшилер бизлерди алдаўы мүмкин екенлиги айтылған. Көплеген жетекшилер өзлериниң ўазыйпасына қыянет етип ҳәм өзлериниң изиндегилерге ҳақыйқатлықты айтпағаны ашынарлы. Езекиел пайғамбардың аўзы менен Қудай халықты алдап жүрген жетекшилерге мүрәжат етеди:
…сизлер өтирик пенен әдил адамның жүрегин қайғыға саласыз… ҳәм өзиниң бузықшылық жолынан бас тартпаўы ушын ҳәм өзиниң өмирин сақламаўы ушын әдалатсыздың қолларын услайсыз…
Буның масихый дүньяда бүгинги күни болып атырғанлардың дәл анықламасы екенине исенемен. Масихый дүканларда, журналларда, диний теле ҳәм радио толқынларында, атақлы масихый психотерапевтлердиң сөзлеринде, көбинесе, өтирик көринеди. Көпшилик жағдайларда бул ойламаған жерде болады деп ойлайман, бул адамлар өтирик сөйлеп атырғанын билмеўи де мүмкин. Бирақ, ҳақыйқатында болып атырған тап усы нәрсе.
Көпшилик жағдайларда психотерапевтлер «әдалатсыздың қолларын услап», оларды тәўбе етиўге мүтәжлик жоқ деп исендиреди. Олар билип турып бойсынбаған ҳәм тәўбе етпеген жүреклери себепли Қудайдың жарылқаўын ҳәм жақсылығын ала алмайтуғынларға сол нәрселерди ўәде етеди. Олардың тәлийматы адамларға өзлериниң ис — ҳәрекетин ақлаўға жәрдем береди:
• ғәзеп («бул сизлердиң ҳақыйқый сезимлериңиздиң саў көриниси»),
• өзин ойлаў («сизлер өзлериңиз ҳәм сизлерден көп нәрсени талап ететуғын адамлар арасына тосқынлықлар қойыўыңыз керек»),
• жуўапкершиликсизлик («сизлерди терең жаралағанлықлары себепли, сизлерде машқалалар бар»),
• садықсызлық («сизлер күйеўиңиз бенен ажырасыўға ерклисиз; Қудай сизлерге екинши мүмкиншиликти береди»).
Соның менен бирге олар әдил жүреклерди «қапаландырады» ямаса оған өтирик айып сезимин береди:
• жуўапкершилик ушын («сизлер басқалардан ғәрезлисиз»),
• хызметкердиң жүреги ушын («сизлер адамларға өзлериңизди пайдаланыўға рухсат етпең»),
• өзлериңиздиң антыңызға садықлығыңыз ушын («Қудай сизлерден усындай некени сақлап қалатуғыныңызды күтпейди»).
Көплеген адамлар, ҳәттеки, масихыйлар да, өтирикке соншелли берилгенликтен, өзлериниң қандай жағдайда екенин билмейтуғыны ашынарлы. Бул өтириктиң тәбияты ол бизлердиң көзимизди қамастырады ҳәм бизлерге алданғанымызды көриўге мүмкиншилик бермейди.
Бул китаптың мақсетлериниң бири — масихый-ҳаяллардың көзлерин ашыўға оятыў ҳәм әтирапында болып атырған нәрселерди баҳалаў, оларды оятыў, дүньялық ҳәм масихыйлық дүньяға кирип келген өтирикти ашыў болып табылады. Бизлердиң әпиўайы ҳәрекетимиз усындай өтирик пикирлеў тийкарында дүзилген! Нәтийжеде үй көшпе қумлардың үстинде қурылады. Бир өтирик екиншисине алып барады, ол басқасына ҳәм солай кете береди.
Тилекке қарсы, көпшилик адамлар еситкен ҳәм көрген нәрселерин ойланбастан өзлерине қабыл етип алады. Бизлер нама тыңлаймыз, китап ҳәм журналлар оқыймыз, фильм көремиз, кеңеслер еситемиз ҳәм өзлеримизге әҳмийетли сораўлар бермей рекламаға тәсирленемиз. Мысалы:
• Автордың «хаты» қандай? Ол не айтпақшы?
• Ҳақыйқаттан да бул солай ма?
• Ҳақыйқатқа қарсы келетуғын жалған пикирлеў маған кесент ете ме?
Шайтан Ҳаўа-енеге әжайып ўәде берди: «…сизлердиң көзлериңиз ашылады ҳәм сизлер жақсылық ҳәм жаманлықты билетуғын қудайдай боласыз» (Жарат 3:5). Ким усындай өзине тартатуғын усыныстан бас тарта алды?
Қадаған етилген жемис «жеўге
Машқала сонда, Ҳаўа-ене жүз берип атырған ўақыяны баҳалап отырмады. Ол ҳақыйқатлықты өтириктен ажыратыўға ҳәрекет етпеди. Ол ислейжақ нәрсесиниң ақыбети ҳаққында ойлап отырмады. Егер Ҳаўа-ене Қудай менен қатнасында, өзиниң некесинде, балаларының, ақлықларының өмиринде, сондай-ақ (оның күйеўиниң гүнасы себепли, оның изинен ерген) қашанлардур жерде туўылатуғын ҳәр бир адамның өмириндеги — оңбағанлық, аўырыўлы, өлтириўши ақыбетлерди көз алдына келтиргенде еди, — қалай ойлайсыз, ол шайтанның өтиригин еситип, Қудайдың айтқанын қылмаған болар ма еди? Мен буған исенбеймен.
Бирақ, бизлердиң алдымызда да тап сол машқала турыпты. Мен гей бир масихыйлар өзлериниң шешиминиң ақыбети ҳаққында шынтлап ойламайтуғынын көрдим. Бизлер қуры жасап атырмыз, басқа адамларға, шараятқа ҳәм әтираптағы даўысларға тәсирленемиз — ҳәзир қәлегенимизди жеймиз, телевидениеде реклама етилетуғын техникалық жаңалықларды сатып аламыз, кейинги мода, жасаў образы, баҳалықлар ҳәм досларымыздың абзаллықларынан үлги аламыз. Булардың ҳәммеси сондай даңқлы көринеди, тәбийий ҳәм айыпсыз түйиледи. Бирақ, ақыбетинде бизлер адамлар менен қатнасымызды үземиз, қарызға батамыз, ашыўшақ, бас аўырыў болып, бизлер өзлеримизди қақпанға түскендей ҳәм жеңилгендей сеземиз. Бизлер алдандық. Бизлер өтирикке исендик.
Мине усындай өтириктиң анық мысалы: жети баланың жас анасы маған Интернет арқалы танысқан еркекти жақсы көрип қалғанын айтып берди; сол адам ушын ол күйеўин таслап кетиўди де ойлаған екен. Бизлер сөйлесип атырғанда ол буның надурыс екенин мойынлады. «Бирақ, ол маған ҳәм балаларыма сондай мийримли», — деди ол.
Еки саат мен, ҳақыйқатында, бул еркекти оның балалары қызықтырмайтуғынын, бундай болғанда ол оның некесин бузбайтуғынын түсиниўин өтиндим; егер ол оны жақсы көргенде, Қудайдың нызамын бузыўға оны ийтермелемейтуғын еди. Мен оған өзи турмақшы болған жол, ол қаншелли өзине тартатуғын болмасын, әлбетте апатқа алып келетуғынын алдын ала айттым. Мен оған алданғанын ҳәм оның жалғыз үмити — ҳақыйқатлыққа исенип, оған сәйкес жасаў кереклигин көрсетиўге ҳәрекет еттим.
Кейинги бапларда бизлер ҳаяллар исенетуғын өтириктиң ең тарқалған ҳәм қыйратыўшы түрлерин көрип шығамыз. Бирақ, дәслеп, келиң, бизлер қалай өтириктиң нышаны болып атырғанымызды ҳәм өтириктиң қалай қуллыққа алып келетуғынын көрип шығайық.
Улыўма ҳәм пүткиллей адамлар қуллыққа тосаттан түспейди. Ҳеш ким тосаттан көп жеўге ямаса қызба минезге бейимлескенликтиң пайда болғанын көрмейди. Қуллыққа жол — бул узақ даўам ететуғын ҳалат. Бизлер баслаймыз…
Мине Едем бағында ҳәммеси усы нәрседен басланған еди. Ҳаўа-ене шайтанның өтиригин тыңлады. Ол бул өтириктиң ақыр — ақыбети қай жерге алып келетуғыны ҳаққында азғана болса да түсиникке ийе болмағанына мениң исенимим кәмил. Бәлким, ол шайтанның не айтпақшы екенин тек еситиў қәўипли емес деп шешкен шығар. Әлбетте, еситиў бойсынбаў дегенди аңлатпайды. Бирақ әҳмийетлиси мынаў: Қудайдың сөзине қарсы келетуғын көз — қарасты еситиўдиң өзи Ҳаўа-енени бойсынбаўшылыққа алып келетуғын сырғанақ жолға, ал ол өз гезегинде денелик ҳәм руўҳый өлимге алып келди.
Ҳақыйқат емес нәрсени еситиў — бул қуллыққа ҳәм өлимге атқан биринши қәдем. Мине не ушын сизиң жүрегиңизге ҳәм ақылыңызға келген мағлыўматты дыққат пенен тексериў әҳмийетли.
Шаңарақта мен жети перзенттиң ишинде туңғышыман ҳәм мен Қудайдан ата-анама берген көз — қарасы ушын миннетдарман: олар балаларға келип түскен мағлыўматты қатаң електен өткеретуғын еди.
Мениң ата-анам биринши әўладтағы масихыйлардан — олар Қудайға жаслығынан исенеди. Бизлерди тәрбиялап, олар әжайып китаплардан пайдаланыў ҳәм заманагөй ата-аналардың қолы жететуғын семинарларға барыў мүмкиншилигине ийе болмаған. Бирақ, Қудай оларға өзлериниң балаларын руўхый «теплицада» «өсириўге» даналық ҳәм батырлық берген. Олар бизлерди зыянлы тәсирлерден қорғаў ҳәм бизлерге руўхый азық беретуғын мағлыўматлар менен қоршаў ушын мүмкин болған ҳәмме нәрсени иследи. Соның ушын бизлердиң жүрегимиз исенимли қорғаўда болды. Жас ўақтымыздан бизлер гүнаны бир шақырымнан сезиўди ҳәм жаманлықты жақсылықтан ажыратыўды үйрендик.
Сол ўақытта балаларды тәрбиялаўдың бундай усылы бизлерге унамайтуғын еди. Бирақ мен ата-анама «Бул дүньяда гүлленип атырған өтириктиң тәсирине балаларымызды биле тура дуўшар етежақ емеспиз», — деп айтыўға батырлық бергени ушын Қудайға миннетдарман. Олар ҳақыйқатлықтың жүрегимизди тирилтиўин ҳәм бизлер оны өзлеримиз билиўимиз ушын бизлердиң Қудайдың Сөзине ҳәм Қудайдың жолларына сүйиспеншилик пенен өсиўимизди шын жүректен қәледи. Бизлерди усы теплицадан дүньяға жибергенде, ата-аналарымыз бизлердиң ҳақыйқатлықта жүриўди даўам етиўимизди ҳәм түрли өтирик ҳәм надурыслықтан бас тартыўымызды қәлеген еди.
Енди мен үлкейдим ҳәм ҳәзир өзимниң ақылымды сақлаў — таңлаўды ойланып ислеў ҳәм мени қудайсыз пикирлеўге тартатуғын нәрселерден бас тартыўдың әҳмийетин көрип турман. Өзине тартатуғын пикирлер түрли дереклерден-телевидение, журналлар, фильмлер, нама, дослар, дүканлар, каталоглардан келип түседи ҳәм булар еле ҳәммеси емес. Тек өзин қатаң тәртипке бойсындырыўшылық ғана ҳақыйқый баҳалыны, әжайып ҳәм әҳмийетлини қабыл етиўге жәрдем береди.
Зыянсыз өтирик болмайды. Бизлер дүньялық, өтирикши, алдамшы пикирлеў образын өзлестирип турып, зыянланбай қала алмаймыз. Ҳаўа-енениң биринши қәтеси жемисти жегени емес, ал Жыланды тыңлағаны болды.
Ҳақыйқатқа туўры келмейтуғын мәсләҳәт ямаса пикирлерди еситиў-ақыр-ақыбетинде бизлерди қул ететуғын надурыс пикирлеўге биринши қәдем. Егер бизлер өтирикти тыңлаған болсақ, қуллыққа болған кейинги қәдем — …
Алдын бизлер өтирикти еситемиз; кейин бизлер ол ҳаққында ойланамыз. Бизлер душпанымыз айтқан сөзлер ҳаққында ойланып баслаймыз. Бизлер мағлыўматты «қайта писиремиз». Бизлер душпан менен сөйлесиўге кирисемиз. Бизлер ол дурыс айтып атырған болыўы мүмкин деп исене баслаймыз. Бул жағдайды атызды ямаса егисликти қайта ислеў барысы менен салыстырыўға болады. Дәслеп топырақ қайта исленеди бизлер Қудайдың сөзине қарсы келетуғын тәсирге өзлеримизди ашамыз. Кейин туқым егиледи-бизлер өтирикти тыңлаймыз. Кейин туқым суўғарылады ҳәм төгин төгиледи-бизлер бул өтирик ҳаққында ойланамыз.
Егер бизлер жүрегимизге ҳақыйқатлық емес нәрсе ҳаққында ойлаўға рухсат етсек, ерте ме кеш пе бизлер…
Бул басқышта егилген туқым өсип баслайды. Алдын Ҳаўа-ене Жыланның сөзин тыңлады. Кейин ол бул ҳаққында ойланды ҳәм оның менен сөйлесиўге киристи. Тез арада ол оның айтқанларының Қудайдың берген ҳақыйқатлығына анық қарсы келетуғын болса да, раслығына исенди. Ҳаўа-ене өтирикке исенгеннен кейинги қәдем енди аўыр емес еди. Өтирикти тыңлаң, ол ҳаққында ойланың, оған исениң ҳәм ерте ме кеш пе сизлер…
Енди туқым суўғарылған ҳәм төгин төгилген, ол өсти ҳәм жемис берип баслады — қызығыў жемисин. Исеним өзинен кейин белгили бир ҳәрекетке алып келеди. Өтирикке исениў гүналы ҳәрекетке алып келеди. Бизлердиң көз-қарасымыз өмир сүриўимизде көринеди. Керисинше, бизлердиң ҳәрекетимиз бәрҳа бизлердиң исенимимизге тийкарланады-аўызша исеним емес, ал
Кейин не болатуғынына қараң. Бизлер ҳақыйқатлықтан бас тартамыз ҳәм бизлерге әҳмийетсиз көринген Қудайдың сөзин бузамыз. Бирақ, кейинги азғырылыўда бизлерге гүнаны ислеў аңсатырақ, кейин еле де жеңилирек болады. Бизлер тосаттан гүна ислемеймиз-бизлер жүрегимизде сыналған жол-гүнаға әдетлениў пайда боламан дегенше қайта-қайта гүна ислеймиз. Жүз берип атырғанды түсинбестен, бизлер қуллықта боламыз. Гүнаның қорғаны қозғалған. Шайтан жемтик таслады, бизлер оны жуттық ҳәм енди ол бизлерди тутып алды-бизлер оның олжасы болдық.
Ҳәммеси неден басланғанын умытпаң:
Туқым егилген; ол суўғарылып ҳәм төгин төгилип атыр, өсип ҳәм жемис берип атыр-бир жемис емес, ал үлкен зүрәәт-қуллық, бузылыў ҳәм өлим зүрәәти.
Көпшилигимиздиң өмиримизде, бизлер өтирикти еситип, оған исенип ҳәм усының тийкарында ҳәрекет етип баслағаннан кейин пайда болған қуллық орталығы бар. Бул қуллықтан қалай азат болып, еркинлик жолында турыўға болады? Мине бизлерге өзлеримизди қуллыққа алған анық өтириктен қутылыўға ҳәм бизлерди азат ететуғын ҳақыйқатлықты билиў ушын үш қәдем.
Сизлерде денениң қуллығының бөлеги бар ма (ашкөзлик, надурыс аўқатланыў, темеки шегиў, алкоголь, наркотик)? Сизлер сезимлер (тынышсызланыў, қорқыныш, ғәзеплениў, сезимлердиң бузылыўы), жынысый қатнасық (мастурбация, порно сүўретлер, бузықшылық, азғырылыў, бир жыныстағы адам менен жынысый қатнас) ямаса қаржы (көп ақша сарплаўға берилиў, қызғаншақлық, сықмарлық) қуллығында емессизлер ме? Сизлер тез ашыўыңыз келиў ямаса өтирик сөйлеўге бейимсиз бе? Сизлер бәрҳама жигерлендириўге мүтәж екениңизди, ҳәдден тыс уялшақлықты, тынбай сөйлеўди қәлеў ямаса телесериаллардан ямаса мухаббат романларынан ғәрезли екениңизди сезесиз бе? Қудай сизиң еркинсизлигиңиздиң басқа тараўларын да сизлердиң есиңизге түсире алады.
Сизлер оларды көриўден, ҳеш нәрсени туўрылаўға ҳәрекет етпең. Бәлким, сизлер усыған уқсас минезден қутылыўға ҳәрекет етип, бирақ әўметсизликке ушырап, жеңилген шығарсыз. Егер сизлер өзлериңиздиң атызыңыздан зәҳәрли өсимликти алып таслағыңыз келсе, онда барлық мийўени жулып таслаў жетерли емес. Олардың орнына тазалары өсип шығады. Зәҳәрли мийўелерди биротала жулып таслаўдың жалғыз усылы-өсимликти тамыры менен жулып таслаў. Мине, соның ушын кейинги қәдем жүдә әҳмийетли.
Бул китаптың кейинги бетлеринде бизлер көплеген масихый-ҳаяллар өз өмирлеринде тамырласыўға ҳәм жемис бериўине имканият берген өтириктиң қырық түрин көрип шығамыз. Китапта санап өтилген өтириклерден ямаса қуллығында болған басқа да анық өтирикти көрсетип бериўин Қудайдан сораң. Буннан тәўбе етиў ушын Оннан жәрдем сораң. Демек, қандай өтирикке исенгениңизди түсиндиңиз. Кейин не болады?
Ҳәр бир өтирикти ҳақыйқатлық пенен өзгертиў керек. Өтирикти еситкен, оны ойлаған, исенген ҳәм оның тийкарында ҳәрекет еткен жерде, енди бизлер ҳақыйқатлықты еситип, ол ҳаққында ойлап, оған исенип ҳәм ҳақыйқатлықтан келип шыққан ҳалда ҳәрекет етиўимиз керек. Усылай етип, биз Мухаддес Руўхтың күши жәрдеминде қуллықтан еркинликке өте аламыз. Ийса айтқанындай, бул «сизлерди азат ететуғын» ҳақыйқатлық (Юхан 8:32).
II–БӨЛИМ
ҲАЯЛЛАР ИСЕНЕТУҒЫН ӨТИРИК
ЕКИНШИ БАП
ҲАЯЛЛАР ИСЕНЕТУҒЫН ӨТИРИК…
…ҚУДАЙ ҲАҚҚЫНДА
Ҳаяллар исенетуғын өтириклердиң ҳәммесин көрип шыға алмайтуғынымызды сизлерге ескертип қойғым келеди. Шайтанөтириктиң шебери ҳәм оның өтиригиниң шынжыры шексиз. Мениң мақсетим-исениўши ҳаяллардың арасында ең көп тарқалған өтириктиң түрлерин көрип шығыў. Заманагөй масихый-ҳаяллардың көплеген машқалаларының тамыры усы өтирикте екенине мен исенемен. (Китаптың барысында мен ҳаяллардың қандай да бир өтирикке исенгенде нени сезгени ҳаққындағы гүўалықларын киргиздим).
Әлбетте, ҳаяллардың ҳәммеси түрли өтирикке исене бермейди. Сиз, бәлким, белгиленген өтирикке исениўге өзиңиздиң бейим екениңизди көрерсиз (ямаса оның ҳәр түриниң бирлигине). Шайтан сизлердиң ҳәлсиз жерлериңизди биледи ҳәм сол жерге өзиниң қуралын қаратады.
Алдын сиз «Яқ, мен
Өтириктиң айырым түрлери жүдә қәўипли, себеби олар ашық өтирик емес, ал ярым ҳақыйқатлық болып табылады. Соның ушын олар еле де нәзик ҳәм қәўиплирек. Ярым өтирик жүз пайызлы өтирик сыяқлы қуллыққа алып келеди.
Бизлер ҳәр бир өтирикке толық тоқтап отырмаймыз. Бул ҳаққында бөлек китаплар жазылған. Мениң мақсетим ҳәр бир түрди толық сүўретлеў емес, ал анығырағы көплеген масихый-ҳаяллардың өмирин ҳәм шаңарақларын бузған пикирлеўдиң улыўма минезлемесинен турады.
Китаптың соңында баслы темалары бойынша әдебиятлар дизими берилген. Мен сизлерди тынышсызландырып жүрген, әсиресе егер сиз қыйын жағдайда жүрген болсаңыз, анық темалар бойынша жәрдем алыў ушын усы бөлимге қараўыңызды қәлер едим.
Айырым темаларды аўырыў деп атаўға болады. Олар ҳәттеки, хош хабарлық дүньяда да көплеген бәсекилерге алып келеди. Айырым жағдайларда сизлер: «Мен буны өтирик деп ойламайман!», — деп маған қосылмайсыз.
Мениң менен наразы болған анық сораўлар, китаптың даўамын оқыўыңызға кесент етпесин. Мен тек Мухаддес Жазыўдың мениң ойымша, бизлерди неге үйрететуғынын жазып атырман. Мен ақырғы инстанциядағы ҳақыйқатлық емеспен, Ийса ҳәм Оның Сөзи-мине ҳақыйқатлық. Мениң мақсетим сизлердиң ҳәммеңиздиң барлық мәселеде маған қосылыўыңызда емес, ал Қудайдың Сөзи арқалы ашылған ҳақыйқатлықты тексерип ҳәм өмириңиздиң барлық бөлимлерин ҳақыйқатлықтан излеўге жол алыўыңызда.
Басламасы ушын мен Қудай ҳаққында бир неше өтирик тастыйықлаўларды таңладым, себеби бизлердиң Ол ҳаққындағы көз-қарасымыз әҳмийетли. Ханна Уайтолл Смит өзиниң
Бизлердиң руўхый өмиримиз, бизлердиң қандай Қудайға сыйынатуғынымызға байланыслы. Себеби сыйыныўшының минези сыйынған қубылыстың тәсиринен өзгереди. Егер Қудай жаўыз ҳәм өш алыўшы болса, Оған сыйыныўшы да сондай болады; егер бул сүйиспеншиликли, мүләйим, кеширимли, пидакер Қудай болса, изине ериўши әсте Оның образына ҳәм Оған уқсап барады.
Бизлердиң Қудайдың минези ҳаққында көз-қарасымыз-бизлердиң көз-қарасымыздың тийкарғы системасы. Егер бизлердиң Қудай ҳаққындағы көз-қарасымыз надурыс болса, онда бизлердиң ҳәмме нәрсеге көз-қарасымыз надурыс болады. Егер бизлердиң Қудайды қабыллаўымыз өтирик болса, онда бизлер усы өтириктиң тийкарында ҳәрекет етемиз ҳәм нәтийжеде қуллықта боламыз.
Бул өтирикке саналы түрде аз адам исенеди. Бизлердиң көпшилигимиз ҳеш ўақытта «Қудай ондай минсиз емес», — деп
Мен бул өтирик Қудай ҳаққында көплеген надурыс көз-қарастың тийкарында жатырғанын билемен. Негизинде, Ҳаўа-енени азғырыўда шайтан дәл усы ҳаққында айтқан еди. Қудай еркек ҳәм ҳаялға ақ патиясын берди ҳәм бейишти олардың рәҳәтлениўи ушын жаратты. Ол оларға бағдағы бир теректен басқа қәлеген теректен жеўге еркинлик берди.
Егер сизлерде Қудайдың минсиз екенинде қандай да гүман болса, қайтып Жаратылыс Китабының дәслепки еки бабын оқып шығың. Ол жаратқан ҳәмме нәрсе минсиз болды, себеби ҳәмме нәрсе сөзсиз Оның минсизлигин көрсетип турды.
Шайтан Қудайға қарсы шығыўға ҳаялға түртки салғанда, оның ойына Қудайдың минсизлигине гүманланыў туқымын екти: «…Қудай расында да айтты ма: „бейиштеги ҳеш қандай теректен жемең“» (Жарат 3:1). Тексттиң жасырын мәниси мынадай еди: «Бәлким, Қудай онша мийримли емес, ондай болғанда Ол сизлердиң қәлеўлериңиздиң орынланыўынан бас тартпас еди».
Егер бизлердиң өмиримизге астан-кестенлик, кеўил қалыў ямаса аўырыў кирип келсе, егер бизлер сүйиклимизди жойтсақ, егер бизлер үмит еткендей ямаса жобаластырғандай болмаса, шайтан «Қудай минсиз бе? Егер Ол мийримли болса, онда Ол буның болыўына қалай жол қойды?», ямаса «Не ушын Ол мениң ең қәлеген нәрсемди орынламайды?» — деп ойлаўға азғыртады. Бул апат ҳәм ашлық патшалық еткен, таўсылмайтуғын урыслар алып барылатуғын гүналы дүньяда алдаўшы Қудайды гүңгирт реңде сүўретлеўге ҳәрекет етип атыр: «Ҳақыйқаттан мийримли Қудай холокост болыўына жол қойды? Ямаса Эфиопиядағы ашлықты? Ямаса Колумбиядағы көплеген өлтириўшиликти?».
Бизлер Қудайдың минсизлигинде гүманланған ўақтымыздан-ақ, Оның еркинен бас тартып, нениң жаман, нениң жақсы екенине өзимиз шешим қабыллап кеткенимизде өзлеримизге аңсат ақлаў табамыз.
Бирақ Қудай
Мен бул ҳақыйқатлықты билип, биринши мәрте тынышлыққа ийе болған сол күнди ҳеш қашан умытпайман. Мен дем алыс күнлеримди үйде ата-анам, алты иним ҳәм сиңлилерим менен бирге өткерип атыр едим, сол ўақытта мен 21 жасқа толған едим. Шемби күни кешқурын ата-анам мени аэропортқа алып барды — мен Вирджинияға ушып кеттим. Мен ол жердеги ибадатханалардың биринде ислейтуғын едим.
Мениң самолетым қонғанда, маған анам қоңыраў қылып, әкемниң жүреги тутып қалғанын ҳәм ол бирден Қудайға кеткенин айтты. Ҳеш қандай ескертиўсиз. Ҳеш қандай хошласыўсыз. Мениң қырық жасар анам сегиз жастан жигирма бир жасқа шекемги жети баласы менен қалды.
Кейинги күнлер, ҳәптелер ҳәм айлар даўамында көз жас дәрьядай ақты. Ҳәр биримиз оның менен жыллы қарым-қатнаста едик-ол әжайып ер ҳәм әке еди. Арт Демоссты жеке билгенлердиң ҳәр бири үлкен жоғалтыўды басынан өткерди.
Бирақ, мен әкемниң өлими ҳаққында билген ўақтымда Қудай маған айрықша жарылқаў берди, яғный, Ол маған ҳақыйқатлықты еслетти. Биринши ойлар пайда болмастан, биринши көз жаслар ақпастан алдын, Ол мениң есиме бир неше күн алдын оқыған аятымды еслетти. Аўдармалардың биринде ол былай айтылған: «Қудай минсиз ҳәм Ол не ислесе де жақсылыққа» (Забур 118:68).
Өмирим бойы әкем мени усы ҳақыйқатлыққа үйреткен еди. Енди, усындай әҳмийетли ўақытта, бул ҳақыйқатлық жүрегиме ҳақыйқый қорған болды. Мен әкемди қатты сағындым ҳәм ҳәзирге шекем жигирма жыл өтсе де сағынаман. Мен оның менен сөйлесиўди сағынатуғын едим. Бизлер еле оның менен көп нәрсе ҳаққында сөйлесиўимиз керек еди. Бирақ, сол ўақытта ҳәм ҳәзир де мен Қудайдың минсиз ҳәм Ол ислеген ҳәмме нәрсениң жарылқаў екенин билемен. Бул ҳаққында Ханна Уайтолл Смит жақсы айтқан:
Көбинесе Қудайдың Қүдирети жарылқаўға уқсамайды. Бирақ, исеним усы сыр алдында бас ийеди ҳәм «Қудай минсиз ҳәм сөзсиз Оның ислегенлери ҳәзир қандай көриниўинен ғәрезсиз жарылқаў болыўы керек. Мен Оның түсиндириўлерин күтемен», — деп айтады.
Усы өтирик алдынғысы менен туўрыдан-туўры байланыслы. Және де, оған исенетуғынын аз адам тән алады, себеби ақылымыздың дәрежесинде бизлер Қудайдың сүйиспеншилигине исениўимиз кереклигин билемиз. Бирақ көплеген ҳаяллардың билгенлери менен
Бизлер — мухаббаты жоқ неке, алдынғы күйеўиңниң усынысы бойынша ажырасыў, қоңыраў қылмайтуғын ҳәм қонаққа келмейтуғын үлкен балаларға деген өзлеримиздиң қарым-қатнасларымызға қараймыз; бизлер жасымыз қырққа барғанын түсинемиз ҳәм турмысқа шығыўға деген соңғы үмит ерийди ҳәм сол ўақытта сезимлер «Мени ҳеш ким жақсы көрмейди — ҳәтте Қудай да. Бәлким, Ол дүньяның ҳәммесин ямаса басқаларды жақсы көрер, бирақ мени Ол жақсы көрмейди. Ондай болмағанда мен өзимди бундай жалғыз ҳәм сүйиклисиз сезбес едим» — деп бақырады. Бизлер ҳеш ўақытта буны еситтирип айтпаймыз, бирақ буған исенемиз, себеби буны
Бәлким, сиз Викторияның басынан өткергени менен таныс шығарсыз:
«Қудай мени жақсы көрмейди» деген өтирик улыўма зыянсыз емес. Ол өмиримиздиң ҳәр бир бөлегинде ҳәм қарым-қатнасымызда өзиниң изин қалдырады. Ойымызға кириўге ҳәм тамыр шығарыўға жол қойған кишкене туқым өседи ҳәм мол зүрәәт береди.
Ҳақыйқатлық Қудайдың,
Қудай мени, төрт жасымнан баслап Оны сүйетуғынлығым, Оған унаўды қәлеўим, конференцияларда шығып сөйлегеним ҳәм китаплар жазғаным себепли сүймейди. Ол Сүйиспеншилик болғаны ушын мени сүйеди. Оның маған деген сүйиспеншилиги мениң ислериме тийкарланбаған. Ол мениң қайғыларыма тийкарланбаған. Мен Оның сүйиспеншилигине ылайықлы емеспен ҳәм ҳеш қашан ылайықлы бола алмайман.
Мухаддес Жазыўда, мен Оның душпаны болған ўақтымда да Ол
Мениң достым, Мелана Монро, көкирек рак кеселлиги менен узақ ўақыт аўыр гүрести басынан өткерди. Жақында оннан алған хатта, ол еки көкирегин алып таслағанда Қудайдың сүйиспеншигиниң арқасында күйеўиниң әжайып реакциясы ҳаққында айтып жазған:
Ханна Уайтолл Смит бизлерге Қудайдың сүйиспеншилигиниң уллылығы, бийиклиги, тереңлиги, кеңлиги ҳаққында ойланыўды усыныс етеди:
Сизлер билетуғын барлық ең мийримли сүйиспеншиликлерди, қашан болса басыңыздан өткерген ең терең сүйиспеншиликти, кимдур сизге көрсеткен ең күшли сүйиспеншиликти бирлестириң, оған дүньядағы барлық сүйиўши жүреклерди қосың, ал кейин буның ҳәммесин шексизликке көбейтиң ҳәм бәлким, сиз Қудайдың сүйиспеншилигин гүңгирт көз алдыңызға келтире басларсыз.
Бизлерде, ҳаялларда, Қудай ҳаққында көз-қарасымыз көпшилик жағдайда таныс еркеклер, әсиресе әкемиздиң тәсири астында қәлиплеседи. Олар бизлердиң Қудайды қабыл алыўымызда унамлы ямаса кери тәсир жасайды. Мен айрықша жарылқаў ушын — сүйиўши, садық ҳәм маған қызығыўшаң әкем болғанына миннетдарман. Усыған байланыслы мениң Аспандағы Әкеге исениўим ҳәм Оның сүйиспеншилигин қабыллаўым аңсат болды.
Бирақ, көплеген ҳаяллардың тәжирийбеси пүткиллей басқаша. Бәлким, сизиң әкеңиз суўық, қатаң, турпайы, жаўыз ямаса сүйиспеншилигин көрсете алмайтуғын болған шығар. Егер сондай болса, онда Қудай-бизиң Әкемиз деген пикирдиң өзи сизлерге жағымсыз. Бәлким, сизде усыған уқсаған жағдай болған шығар:
Егер сизлерди қашан болса да исенген әкеңиз ямаса басқа еркек жаралаған болса, онда сизлерге Қудайға исениў қыйын болыўы мүмкин. Бәлким, сиз Оннан қорқатуғын шығарсыз ямаса Оған ашыўыңыз келетуғын шығар. Қудай сизлер билген еркеклерге уқсамайтуғынына исениўиңиз керек. Жердеги ең дана, ең мийримли әке-тек ғана Аспандағы Әкениң ҳәлсиз көриниси. Мухаддес Китаптағы Қудай шексиз әжайып, тазарақ ҳәм бизлерди жердеги ең әжайып әкемизден де көбирек жақсы көреди. Мине не ушын бизлер Қудай ҳаққындағы көз-қарасымыздың басқа адамлардың тәсири астында қәлиплесиўине жол қоймаўымыз әҳмийетли, себеби ҳәтте, өзиниң ең жақсы көринисинде де олар — тек Қудайдың бурмаланған көриниси.
Егер ҳақыйқатлықтан Қудайдың қандай екенин билгиңиз келсе, Оны анық сүўретлейтуғын Қудайдың Сөзине мүрәжат етиўиңиз керек, Өзинде «салтанатының жарқыраған нуры ҳәм Қудайдың ҳақыйқый тәбиятының қандай екенин…» (Еврей 1:3) көрсететуғын Ийса менен танысыўыңыз керек.
Мухаддес Китаптағы Қудай — рейимли, мүләйим, мийримли Әке. Бул Оның бизлер қәлеген ҳәмме нәрсени береди дегени емес — ҳеш бир дана әке өзиниң балаларына қәлеген нәрселериниң ҳәммесин бере бермейди. Бул бизлер Оның шешимин бәрҳа түсине аламыз дегени емес — Ол ҳәдден тыс уллы. Бул Ол ҳеш ўақытта бизлердиң аўырыў сезиўимизге жол қоймайды дегени емес — айырым ўақытлары Оның Өзи бизлерге аўырыў ҳәм қыйыншылықты жибереди. Не ушын? Себеби Ол бизлерди жақсы көреди. Себеби Ол бизлерге бийпәрўа емес. Себеби Ол бизлерге садық. Еврейлерге жазылған хатта, Қудай «мухаддеслигине садық болыўымыз ушын бизлердиң пайдамызды ойлап» жазалайды деп жазылған (Еврей 12:10).
Бизлер не сезиўимиз ямаса ойлаўымызға қарамастан, ҳақыйқатлық ҳақыйқатлықлығынша қалады: Ол Өзиниң балаларын сүйетуғын, өмириңди исенип тапсырыўға болатуғын жақсы Әке. Ханна Уайтолл Смит Қудайдың әкелик жүрегине исениў деген не екенлиги ҳаққында көп жазды:
Егер сизлер Қудайды Әке сыпатында билген болсаңыз, өзиңизди қорғаўсыз сезип, қәўетерлениў мүмкин емес.
…Жердеги жақсы әке ҳеш қашан ислемейтуғын нәрсени, Аспандағы Әке де ислемейди; жақсы әке ислеўи керек нәрсени, Қудай Әке, әлбетте, ислейди.
Әке бизлерди Өзиниң Улын сүйгендей етип сүйетуғынын Масих бизлерге түсиниўимиз ушын ашып берди. Бизлер буған исенсек, бизлерде бир де болса да қозғалаң салыўшы ямаса тынышсыз ой пайда болар ма еди? Қудайлық Әке қандай жағдай болса да ең жақсы көринисте бизлерге ғамхорлық көрсетип ҳәм бизлердиң түрли мүтәжлигимизди орынлаўына бизлер исенбеймиз бе?
«…Мен неге мүтәж болсам — бул Сен»… Бундай әжайып гимнди ибадатханадағы жыйналыста айтыў — бир гәп, ал аўыр ҳәм шатасқан дүньяға, яғный, ибадатханының сыртына шығыў-бул басқа гәп. Сол ўақытта бизлерге керек нәрсениң
Ис ҳақыйқый машқалаға айланғанда, бизлер Қудайдың Сөзиниң жетерли екенине исенбеймиз. Яқ, әлбетте, ол басқа адамларға жәрдем бериўи мүмкин, бирақ Оның
Әлбетте, маған Қудай керек. Бирақ, маған Оның менен
Егер сизде Қудай бар болса, усы сизге жетерли деп ҳақыйқаттан исенесиз бе? Ямаса сизлер мына ҳаялларға көбирек уқсайсыз ба?
Ҳақыйқаттан, Қудайдың Өзи жетерли екенине исенемиз бе ямаса жүрегимиздеги бослықты толтырыў ушын — аўқат, саўда етиў, дослар, қызығыўшылық, қыдырыў, жумыс ямаса шаңарақ сыяқлы бизлер басқа бир нәрсени ямаса басқа биреўди излеп атырмыз ба?
Мухаддес Жазыў Қудайдың нызамларының бизлердиң мәпимиз ушын ҳәм бизлерди қорғаў ушын жазылғанын қайта-қайта үйретеди. Еркинликке жол-бойсыныў арқалы болады. Бирақ, шайтан Қудайдың нызамлары аўыр, ақылға сыймайды ҳәм әдалатсыз ҳәм Оған исенип бизлер бахытсыз болатуғынымызды айтып исендиреди. Бағда ол Ҳаўа-енениң дыққатын Қудайдың берген жалғыз шеклеўине аўдарды. Өтирикшиниң Ураны — «Не қәлесең соны исле, ҳеш ким саған нениң мүмкин, нениң мүмкин емеслигин көрсете алмайды».
Арамызда көпшилигимиз Сара атлы ҳаялға уқсайтуғынын мойынлайды:
Мен не ушын көпшилик ҳаялларда аўқатта машқала пайда болатуғынына жийи таң қалатуғын едим. Буның Жаратылыс Китабының 3-бабына қатнасы бар екенине исенемен. Ақыр-ақыбет, ең биринши гүна қандай еди? Бул
Бизлер қырсығып өзимиз қәлегенимиздей ислеп, шеклениўди ысырып қоямыз. Ҳаўа-енениң қадаған етилген жемистен жеўге еркли болғаны сыяқлы, бизлер де не қәлесек соны таңлаўға ерклимиз. Бирақ, бизлер тек бир нәрсени таңлаўға еркли емеспиз-бул өзимиздиң таңлаўымыздың ақыбети.
Бизлер егер өтирикке исенип ҳәм соның тийкарында ҳәрекет етсек, онда ақырында қуллыққа келетуғынымызды айтқан едик. Сараға кейин не болғанын еситиң:
Сара бир ўақытлары қанша ҳәм қашан қәлесе соны жейтуғынын шешти. Бул еркинликтей көринеди, солай емес пе? Бирақ, қараң: оның сөзи менен, ол еркин. Ол еркинликке ерисемен деп ойлады, бирақ бахыт гүнгирт болып шықты. Буның орнына ол «аўқаттың тутқынына» түсип, 20 килограмға семирди ҳәм депрессияға түсти.
Бул ҳаял «ҳақыйқый еркинлик-бойсыныўдың жемиси» екенин түсинип, ҳақыйқатлық бойынша жасаўды баслағанда, ол ҳақыйқатлықтан азат болды.
Бундай көз-қарас еки тәреплеме алданыўға алып келеди. Бириншиден, ол Қудайды жағыныў ҳәм бизлерге хызмет етиў ушын жасап атырған жинниң, биринши қоңыраўдан хызмет етиўге жуўырып келетуғын, жалланған қулдың дәрежесинде пәске түсиреди. Бул өтирик өзи менен Қудайдан кеўил қалыўға тартады: егер бизлердиң машқаламыз шешилмей атырса, демек, Қудай бизлерге жәрдем бериўге асықпады.
Екиншиден, бул өтирик өмиримиздиң мақсети-машқалаға ийе болмаў, аўыр ҳәм жағымсыз нәрселерден қутылыўды нәзерде тутады. Бизиң жәмийетимиз машқала менен жасаў мүмкин емес ҳәм ҳәр бир машқала шешилиўи тийис деп ойлаўға үйренген.
• Бас аўырыў? Аўырыўды қалдырыўшы дәри қабыллаң.
• Баслығыңыз унамай ма? Жумысыңызды өзгертиң.
• Пасторыңыздың ўаз айтқаны унамай ма? Басқа ибадатхана табың.
• Өзиңизге таза машина сатып ала алмайсыз ба? Прокатқа алың.
• Еркеклер сизлерге итибар бермей атыр ма? Азырақ жортаға сүйиң ҳәм олардың дыққатын тартатуғындай етип кийиниң.
• Күйеўиңиз сизге дыққатсыз, спортқа берилген ҳәм сиз ушыратқан ўақыттағыдай романтик емес пе? Жумыста (ямаса ибадатханада), сизге ғамхорлық ететуғын ҳәм тыңлайтуғын еркекти табың.
Көплеген адамлар ушын масихыйлық-өзлериниң машқаласын шешиўдиң және бир усылынан басқа ҳеш нәрсе емес. Тек Қудайға дуўа ет ҳәм исен, ҳәм сениң банкте көп ақшаң болады, достың рактан шыпа табады, сен енди басқа жалғыз болмайсаң, некең қутқарылады, бойсынбайтуғын балаларың Қудай менен жарасады, сен бәрҳа гүнаны жеңесең, керек емес әдетлер менен гүресиўиңниң кереги жоқ ҳәм сен бахытлы ҳәм саў-саламат боласаң.
Холлиға бул өтирик көп жеў машқаласынан қутылыўға кесент ететуғын еди:
Усыған уқсаған өтирик түсиниклер, не ушын көплеген масихыйлардың ғәзеп ҳәм қайғыда жасап атырғанын, не ушын олардың өмирден кеўли қалғанын түсиндиреди. Олар егер Ийсаны қабылласақ ибадатханаға барамыз ҳәм «масихый сыяқлы» жасаўға ҳәрекет етемиз ҳәм бизлерде ҳеш қандай машқала болмайды деп ойлаған еди. Бойсыныўшылықта жасаў — бул Қудайсыз жасаўдың ҳәм Қудайға тән жасамаўдың тәбийий ақыбети болған көплеген машқалалардан қашыў. Бирақ, бул Масихқа ериўшилер машқаладан бирден қутылады дегени емес.
Ҳақыйқат турмыс қыйыншылықларынан турады. Бизлер гүнаға батқан дүньяда жасаймыз. Ҳәтте, гүнасы өтелгенлер де жерлик дене менен жасап атыр ҳәм гүнаға (жеке өзиниң ямаса басқа адамлардың гүнасына) азғырылыўға, аўырыўға, жойтыўға, аўырыў ҳәм өлимге дус келиўди даўам етип атыр. Бизлердиң масихый болғанымыз ҳәтте, руўхый өскен, ақ кеўилли масихый болғанымыз бизлерди қәўипсиз болатуғын қандай да аспан пиллесине орналастырмайды. Қудай жаңа жерди ҳәм жаңа аспанды жаратпағанша, бизлер гүнаның қыйратыўшы тәсиринен биротала қутыла алмаймыз. Ал, сол күнге шекем бизлерде көз жас та, апатлар да, қыйыншылықлар ҳәм машқалалар да бола береди.
Бирақ, бизлердиң машқаламыздан Қудайдың шегинип ҳәм узақласпағаны да жақсы. Ол бизлерди тири қаламыз ба, жоқ па деп, жоқарыдан бақлап турмайды. Яқ! Мухаддес Китаптағы Қудай — «апатларда тез жәрдемшимиз…» (Забур 45:2). Бул бизлердиң машқаламыз сыйқырлы таяқшаны бир силтегеннен тез жоқ болып кетеди дегени емес. Бул Оның қыйыншылықларды ҳәм машқалаларды бизлердиң минезимиздиң қәлиплесиўи, өмиримиздиң өзгериўи, «шеккен азаплары арқалы бойсыныўды үйренген…» (Еврей 5:8) Өзиниң Улы Ийсаға уқсатыў ушын пайдаланатуғынын билдиреди.
Бизлер Қудай машқаламыздың ҳәммесин шешиўин қәлеймиз. Бирақ Ол былай деп айтады: «Мен сени өзгертиў ҳәм пүткил дүньяға Өзимниң жарылқаўымды ҳәм күшимди көрсетиў ушын машқаладан пайдаланғым келеди». Бул ҳақыйқатлық — ҳәм ҳақыйқатлық сизлерди еркин етеди.
ӨТИРИК
1. ҚУДАЙ ОНДАЙ ЖАҚСЫ ЕМЕС, БОЛМАСА ОЛ…
ҲАҚЫЙҚАТ
• Қудай жақсы ҳәм Оның ислеген ҳәмме нәрсеси, — жақсылық.
• Қудай ҳеш ўақытта қәтелеспейди.
ӨТИРИК
2. ҚУДАЙ МЕНИ ЖАҚСЫ КӨРМЕЙДИ.
ҲАҚЫЙҚАТ
• Қудайдың маған деген сүйиспеншилиги шексиз ҳәм сөзсиз.
• Қудайдың сүйиспеншилиги ҳәм жақсы қараўы ушын мениң ҳеш қандай ҳәрекетим керек емес.
• Қудай бәрҳа мениң пайдама ҳәрекет етеди.
ӨТИРИК
3. ҚУДАЙ МЕНИҢ ӘКЕМ СЫЯҚЛЫ.
ҲАҚЫЙҚАТ
• Қудай-Өзин Өз Сөзинде ашып бергениндей.
• Қудай шексиз дана ҳәм ҳәр қандай жердеги әкеден көбирек мени жақсы көреди.
ӨТИРИК
4. БАХЫТ УШЫН ҚУДАЙ ЖЕТЕРЛИ ЕМЕС.
ҲАҚЫЙҚАТ
• Бахыт ушын Қудай жетерли. Егер менде Ол болса, онда керек нәрсениң ҳәммеси менде бар.
ӨТИРИК
5. ҚУДАЙ МЕНИҢ ЕРКИНЛИГИМДИ ШЕКЛЕМЕКШИ.
ҲАҚЫЙҚАТ
• Қудай бәрҳа ең жақсы шешимди табады.
• Қудайдың шеклеўи-бәрҳа мениң пайдам ушын.
• Қудайдың шеклеўлерине қозғалаң ҳәм қарсылықлар мениң өмириме урыс ҳәм аўырыў алып келеди.
ӨТИРИК
6. ҚУДАЙ МЕНИҢ МАШҚАЛАЛАРЫМДЫ ШЕШИЎИ КЕРЕК.
ҲАҚЫЙҚАТ
• Өмир аўыр.
• Қудай мениң машқаламның ҳәммеси шешилиўи ушын емес, ал мениң өзгериўим арқалы Өзиниң атының уллыланыўын қәлейди.
• Қыйыншылық арқалы Қудай мени мәңгилик мақсетине алып барады.
• Мениң жақтыланыўым барысында Қудай машқалаларымды да пайдаланады.
• Мен қандай машқалаға дус келсем де, мен ушын Қудайдың жарылқаўы жетерли.
Яқыптың Хатында жазылғанындай (1:21-25), ҳақыйқатлықты тек еситиў жетерли емес. Бизлер ҳақыйқатқа бойсыныўымыз керек ҳәм оны өмиримиздиң ҳәм пикирлеў образымыздың ажыралмас бөлеги етиўимиз керек. Егер бизлер билсек те ҳақыйқатта жасамасақ, онда бизлер ақмақпыз ҳәм өзимизди өзимиз алдаймыз. Егер бизлер ҳақыйқатқа бойсынсақ, онда бизлер жарылқанғанбыз.
Бул китаптың ең әҳмийетли бөлимлериниң бири баплардың соңында жайласқан «Әмелде қолланыў» деп аталатуғын бөлим болып есапланады (екиншиден тоғызыншыға шекем). Кейинги бапқа өтпестен алдын, өзиңизге ҳәзир ғана оқыған ҳақыйқатлыққа қараўға ўақыт бериң. (Бәлким, өзиңиздиң күнделигиңизде бизлердиң сораўымызға жуўабыңызды жазғыңыз келер. Ҳәр бир бөлимниң ақырына сиз ушын таза пикир ҳәм Мухаддес жазыўдан аят жазыў ушын орын қалдырың.).
1. Қудай менен КЕЛИСИҢ.
Қудай ҳаққында қандай өтирикке исендиңиз?
2. Жуўапкершиликти өзиңизге АЛЫҢ.
Бул өтирикке исениў сизиң жасаў образыңызға қалай тәсир етти (сизиң қатнасыңыз ҳәм ҳәрекетиңиз)?
3. Ҳақыйқатты ЖӘРИЯЛАҢ.
Жоқарыда келтирилген ҳақыйқатлықтың ҳәр бирин даўыслап оқың. Усылардың қайсысы ҳәзир сиз ушын айрықша әҳмийетли?
Өзиңиздиң ақылыңызды Қудайдың Сөзи менен жаңартың. Даўыслап келеси үзиндилерди оқың. Бул аятлар Қудайдың минези, Оның балаларына деген қатнасы ҳаққында не айтады?
Забур 99:5
Забур 22
Забур 120
Рим 8:28-39
4. Ҳақыйқатлық тийкарында ҲӘРЕКЕТ ЕТИҢ.
Өмириңиз ҳақыйқатқа туўра келиўи ушын қандай адым атыўыңыз керек?
5. Ҳақыйқатта жүриўиңиз ушын Қудайдан жәрдем СОРАҢ.
ҮШИНШИ БАП
ҲАЯЛЛАР ИСЕНЕТУҒЫН ӨТИРИК… …ӨЗИ ҲАҚҚЫНДА
Бир неше ай алдын мениң көзим қатты аўырды ҳәм мен контакт линзаларымды таға алмай қалдым. Алдын мен бул аллергиялық тутыў деп ойладым ҳәм дәриниң жәрдеминде олардан қутылыўға ҳәрекет еттим. Бирақ, машқала кетпеди. Көзимниң үсти зыянланғаны ушын мен линзадан жақсы көре алмадым, бул мениң көриўимди төменлетти. Ақыр-ақыбет зыянланыў сондай күшейгенликтен, линзаны шешиўге ҳәм көз шыпакериниң қабылына жазылыўға туўра келди.
Ол көзимди тексерип көргеннен кейин, буның аллергиядан, ҳәттеки, мениң көзимнен де емеслигин, ал линзадан екенлигин айтты. Қандай да тақылетте линза зыянланған: ол тегис болып, түршигиўди пайда етип көзди ғайзайтуғын еди. Көриўди қайта тиклеў ушын зыянланған линзаны тазасына өзгертиў керек еди.
Бизлердиң Қудайдың минези ҳаққындағы көз-қарасымыз үлкен әҳмийетке ийе, себеби ол бизлердиң қалған көз-қарасымыздың ҳәммесине тәсир етеди. Қудайды бурмалап қабыллаў бизлердиң ҳақыйқатлықты қабыллаўымызды өзгертеди. Көбинесе, бизлер түршигиў ямаса ишимиздеги тынышсызлықты адамлардан ямаса жағдайдан емес, ал ҳәмме нәрсеге бизлердиң зыянланған линза арқалы қараўымыздан екенин түсинбеймиз.
Бизлердиң Қудайға деген көз-қарасымыз өзимизге деген көз-қарасымызға қатты тәсир етеди. Егер Оны ҳақыйқатлықта қандай болса сондайлығынша көрмесек, егер бизлер Оның жеккелиги ҳаққындағы өтирикке исенсек, онда сөзсиз өзимиз ҳаққында да надурыс ойлаймыз.
Егер бизлер Қудайды пәс баҳаласақ, онда бизлер өзлеримиз бийшараға айланамыз. Егер бизлер ойымызда дүньяның үстинен ҳүкимранлық ете алмайтуғын ҳәлсиз, күшсиз Қудайды көрсек, онда өзлеримизди ҳәлсиз етип көремиз ҳәм боран менен жағымсыз жағдайларды жеңе алмаймыз. Егер бизлердиң Қудайымыз ҳеш нәрсеге турмаса, онда бизлер де ҳеш нәрсеге турмаймыз деп ойлаймыз. Егер бизлер Қудай ҳаққында өтирикке исенген болсақ, бизлер өзимиз ҳаққында өтирикке исенген боламыз. Мысалы, мынадай өтирикке…
Бизлер сораў берген 42%-тен көп ҳаяллар, усы өтирикке исенетуғынын айтты. Бул жүдә күшли өтирик ҳәм олардың гуўалығы буны тастыйықлаўы мүмкин:
Көбинесе, өзимиздеги ҳеш нәрсеге турмаслық сезими-әтираптағылардан, әсиресе, балалығымызда еситкен өтирикке исениўдиң ақыбети.
Машқала сонда, өзимизди баҳалаў, көбинесе, адамлардың бизлер ҳаққындағы пикири менен белгиленеди. Айырым ўақытлары олардың сөзлери дурыс ҳәм пайдалы болып шығады. Бирақ, бәрҳа емес. Егер қандай да бир себеп пенен биз пикирине қулақ асатуғын адамымыз, бизлерге сынған «линза» арқалы қараса, онда оның қабыл етиўи бузылады. Арамызда айырымларымыз өмир бойы сезимлер қамақханасында жасадық, себеби «қыйсық» айнадағы көринисти ҳақыйқатлық сыпатында қабыл алдық.
Адамлардың сөзлери теориялық жақтан дурыс болса да, Өтирикши бизлерди қуллыққа алыў ушын усы мағлыўматты пайдаланыўы мүмкин. Мысалы, достысы алты жасар қызға «Сен семизсең!» — деп дурыс айтыўы мүмкин. Бул кишкене қыз бир күни қуллыққа түсиўи мүмкин, егер «Мен семизбен». Соның ушын:
• мен бәрҳа семиз боламан,
• мени ҳеш ким ҳеш қашан жақсы көрип қалмайды ҳәм мениң достым болыўды қәлемейди,
• мен өзлигимнен ҳеш ким емеспен,
• әтираптағыларға унаў ушын мен топардың жаны болыўым керек» деген өтирик шешимге сүйенип өссе.
Айырым ўақытлары балалықта еситкен жалғыз ғана бир ескертиў, адамды көп жыллар қыйнап, изинен жүриўи мүмкин. Усындай жағдай Мендеде болды:
Бул ўақыяда адамның қуллыққа қалай түсетуғын барысы жүдә анық көринеди. Дәслеп, балалықта, бул ҳаялға қорқынышлы, қыйратыўшы өтирикти айтқан. Ол оны еситти, ал кейин оған ҳақыйқатлықты қарсы қойыўдың орнына, оған исенемен дегенше оның үстинде ойлай баслады. Ақыр-ақыбет ол бул өтириктиң тийкарында ҳәрекет ете баслады («Мен шетлендим…») ҳәм өтирик оны қуллыққа алды: «[Мен] депрессияға түстим, уйықлаўды ҳәм ҳеш қашан оянбаўды әрман ететуғын едим».
Өзин-өзи қабыл етиў адамның өмирин ҳәм келешегин белгилейди. Егер бизлер өтирикке исенип ҳәм оның тийкарында ҳәрекет етсек, онда қуллыққа түсемиз. Буны кейинги гүўалықлар тастыйықлайды:
Бул гүўалықлар жалғыз емес. Бүгинги күнде көплеген ҳаяллар өзине жақсы қатнасты излейди; оларды әтираптағылардың қоллаўына сазаўар болыў тилеги басқарып атыр. Олар қыялындағы тәрезиде өзлерине болған жағымсыз қатнасты тең салмақлы қылыўға, олардың орнын толтырыўға урынып атырғандай. Бирақ, көпшилик жағдайларда жақсы пикирлер қанша көп болмасын, олар ҳеш нәрсеге турмайтуғынына исениўге мәжбүрлеген сол жаман, жаралайтуғын сөзлерден аўыр салмаққа ийе бола алмайды. Жигерлендириў ҳәмийше жеткиликсиз болады. Олар өзлериниң сыртқы көриниси ямаса жумысы ҳаққында жүз мақтаў есите берсин, бирақ шаңарағының бир ағзасы қандай да жаман нәрсе айтса ҳәммеси бурынғы орнына қайтады. Не ушын? Себеби олар басқа адамларға өзлериниң баҳалылығын белгилеўге рухсат береди.
Петрдың 1-хатында мынадай аят бар, Ийсаның баҳалығының қалай белгиленгенин көрсететуғын-әтираптағылардың Ол ҳаққындағы пикирлери менен емес (ол жақсы ямаса жаман болсын), ал Оның Аспандағы Әкесиниң көрсеткен ҳақыйқатлығы бойынша. Ол адамларға керексиз болды, бирақ Қудай тәрепинен таңланған ҳәм Ол ушын бийбаҳа (Петрдиң 1-х 2:4 — қа қараң). Ийса Ол Өзи ушын жаратқан, Ол сүйген ҳәм Өзиниң жанын қыйған
Көз алдымызға келтириў мүмкин, сүўретлеў искусствосында ҳеш нәрсе түсинбейтуғын бир адам әжайып картинаны мусор шелекке таслады. Оның баҳалылығы пәсейе ме? Әлбетте, яқ. Искусства шығармасының ҳақыйқый баҳалылығы, искусствоны баҳалаўшы оны таўып ҳәм: «Бул бийбаҳа шедевр ҳәм мен ол ушын қәлеген нырқты төлеўге таярман», — деп айтқанында көринеди.
Қудай Өзиниң жалғыз Улын сизлердиң ҳәм мениң гүналарымызды атанақта алып кетиў ушын усы жерге жибергенде, Ол бизлердиң жанымыздың баҳасын белгилегендей, — Ол олардың пүткил дүньядан да қымбатырақ туратуғынын жәриялады. Сиз кимниң пикирин қабыллайсыз? Өтирикке исениў сизди қул қылады. Ҳақыйқатқа исениў-азат етеди.
«Өзин пәс баҳалаў» — бизиң күнлеримизде ең көп тарқалған диагнозлардың бири. Профессионал психологлар оны өзиниң пациентлерине қояды, муғаллимлер оны оқыўшыларына қояды, пасторлар бул ҳаққында ширкеў шөлкеми ағзаларына айтады, ата-аналар балаларына ҳәм жүдә көп адамлар буны өз-өзинде тән алады.
Өзин керексизбен деген сезим менен аўырғанларға дүнья мынадай рецепт жазып береди: «Сен өзиңди-өзиң сүйип үйрениўиң керек». Бул атақлы психологияның ҳәм өзин-өзи сүйиўдиң усылларын излеп жүрген адамлардан қуралған жәмийеттиң дуўасына айланады.
Диний товарлар каталогларының биринде «Өзиңди өзиң сүй» деген қосық жазылған футболка бар:
Өзиңди өзиң сүй!
Қубла ҳәм арқа-ҳәммеси сен ушын жаратылған.
Еркин бол-сен усы ушын жаратылғансаң,
Өзиңди көрсетиўге мүмкиншилик изле.
Гүманлар жоқ бол-сен баҳалысаң!
Ал басқаша айтатуғынлар-сени билмейди.
Өзиңниң баҳалылығыңды көриў ушын дуўа ет.
Өзиңди сени сүйетуғынлар менен қорша,
Сағыныш ҳәм айып сезимлерин қуў,
Саған деген Қудайдың айрықша сүйиспеншилигин сез.
Өзиңниң қәлеўлериңди тыңла,
Же, қуўан, шадлан, өзиңди еркелет,
Сени қаралайтуғынлардан қаш,
«Мен» — бул әжайып сөз!
Басқа каталогта төмендеги сөзлер жазылған «сыйқырлы пижама» усынылды: (олар адамлар айнаға жақынлағанда оқый алатуғындай етип, айналық көринисте жазылған): «Мен қымбатлыман, таң қаларлықпан, айрықшаман, әжайыппан, баҳалыман, сақыйман, сийрекпен, пүтинмен, мухаддеспен, толықпан, ылайықлыман, патшалықлы ҳәм ҳүрметли шахспан» деп жазылған «сыйқырлы пижама» усыныс етеди. Бул пижама «сизиң қандай баҳалы ҳәм айрықша екениңизди еслетиўге» арналған.
Көбинесе болатуғыны сыяқлы усындай рекламадағы өтириклер ҳақыйқатлыққа қарама-қарсы. Қудайдың Сөзи, бизлердиң Қудайға уқсатылып жаратылғанымызды, Оның бизлерди сүйетуғыны ҳәм бизлердиң баҳалы екенимизди тастыйықлайды. Бирақ, бунда бизлердиң үлесимиз жоқ. Егер бизлер өзлеримизди мақтаўға кириссек, онда Қудайдың сүйиспеншилиги еле де жақсырақ сезилмейди. Керисинше, бизлер жанымызды жойтып ғана, оны табатуғынымызды Ийса бизлерге үйреткен. Өзин сүйиўге үйретиў адамларды жалғызлық ҳәм бахытсызлыққа алып келеди.
Көбинесе адамлар: «Мен ҳеш қашан өзиме унамағанман» ямаса «Ол өзин сүймейди» — деп айтады. Мухаддес Жазыў бойынша ҳакыйқатлық сонда, бизлер өзлеримизди сүйемиз, ҳәттеки артықша. Ийса өзимизди сүйгендей жақынымызды сүйиўди буйырғаны, басқаларды сүйиў ушын алдын өзимизди сүйип үйрениўимиз керек дегенди билдирмейди. Ийса, өзимизге тәбийий ҳалда көрсететуғын дыққат ҳәм ғамхорлықлар муғдарын басқаларға да көрсетиўимиз керек екенин айтады.
Егер мениң тисим аўырса, мен дәрҳал жағдайды анализлей баслайман ҳәм машқаланы шешиўге ҳәрекет етемен. Егер мен «өзимди сүймегенде», онда аўырыўға дыққат аўдармаған болар едим. Бирақ, басқа биреўдиң тиси аўырғанда, бийпарўа болыў сондай аңсат, себеби бул оның машқаласы. Бизлер тәбийий ҳалда өзимизди сүйемиз, бирақ бизлер басқаларды сондай етип тәбийий сүймеймиз.
Ефестлилерге жазылған хатта да, усы нәрсе айтылады, Павел күйеўлерге ҳаялын сүйиўди «Өзиниң денесиндей…
Бизлер бәрҳа өзлеримизге ғамхорлық етемиз, өзлеримиздиң қайғыларымызды терең бастан өткеремиз, бәрҳа адамлардың ҳәрекетлерин қалай тез қабыл етиўимизди бәрҳама түсинемиз. Бизлердиң айырымларымыздың усындай жаралы екенимиздиң себеби, бизлердиң өзлеримизди жек көргенимизден емес, ал өзлеримизди қатты сүйгенлигимизден! Бизлер адамлардың өзлеримизди қабыллап, бизлер менен мүләйим қатнаста болыўын қәлеймиз. Бизлер өзлеримизди бундай қатты сүймегенимизде, бизлерден бас тартқанына, бизлерди менсинбегенине ҳәм бизлерге керекли дыққат аўдармағанына бундай қайғырмайтуғын едик.
Гәп мынада, бизлер өзлеримизди жек көрмеймиз, бизлерге өзимизди сүйиўди үйрениўдиң кереги жоқ. Қудайды ҳәм әтираптағыларды ҳақыйқат сүйиў ушын өзимизден бас тартып үйрениўимиз керек. Бизлердиң аўырыўымыз — «өзин пәс баҳалаў» емес ҳәм өзимизге болған жаман қатнас емес. Бул Қудайды пәс баҳалаў. Бизлердиң машқаламыз — «өзимизди қандай болсақ, сондай етип қабыллаў» емес, ал «Қудайды қандай болса, сондай етип қабыллаў». Бизлерге өзимизди көбирек сүйиўимиздиң кереги жоқ, Оның бизлерге деген шексиз сүйиспеншилигин, Оның ойларын ҳәм бизлердиң өмиримизге мақсетин қабыллаў керек.
Бизлер Оның сүйиспеншилин қабыллаған ўақытта, өзимизди әтираптағылар менен салыстырыў зәрүрлиги жоғалады. Бизлер улыўма «өзимиз» ҳаққында бундай етип көп ойламайтуғын боламыз. Буның орнына бизлер басқа адамларға деген Оның сүйиспеншилигин ашып көрсетиўши боламыз.
Бул көплеген адамларды өмир бойы қуллыққа алып келетуғын және бир өтирик. Бул өтирикке қашанлардур бизлердиң ҳәммемиз де исенген едик. Бәлким, сизлер өзлериңизди бул ҳаяллардың биринде танырсыз:
Бизлер өзлеримизде өзимизге унамайтуғын ямаса Қудайға унамайтуғын нәрсени көремиз. Бирақ, өзимиздиң таңлаўымызға, қатнасымызға ҳәм ҳәрекетимизге жуўапкершиликти қабыллаўдың орнына, бизлер 101 сылтаў ойлап табамыз:
• Бизлердиң үйимиз сондай тар болғанлықтан, ҳәммеси нервқа тәсир етеди.
• Мениң жумысым сондай аўыр болғанлықтан, мен үйге келгенимде балаларға ашыўланбай тура алмайман.
• Бул тек қыйын күнлер.
• Менде гармоналлық үзилиў.
• Мен сондай қатты шаршағанымнан, менде ҳеш нәрсеге күш жоқ.
• Мениң шаңарағымда ҳеш ким урыс — қағысларды шешип билмейтуғын еди. Бизлер барлығын ишимизге жыйнап, ҳеш нәрсе болмағандай болып жүретуғын едик. Мен ҳәзирге шекем қыйын темалар ҳаққында сөйлесип билмеймен.
• Ата-анам ҳеш ўақытта мени мақтамайтуғын еди ҳәм мен өзимди сүйикли сезбейтуғын едим.
• Мениң анам ҳәм кемпир апам ҳеш қалмайтуғын депрессиядан қыйналатуғын еди. Бул әпиўайы нәсилликке уқсайды.
• Анам ҳеш ўақытта маған ҳақыйқый ана болмады ҳәм соның ушын мен балаларымды қалай тәрбиялаўды билмеймен.
• Мениң балалығым аўыр болды ҳәм мен адамларға исене алмайман.
• Алдыңғы күйеўим бәрҳа мени пәске таслайтуғын еди, ол мениң өзимди пәс баҳалаўымда айыплы.
Айтылғанлардың ҳәммеси барлық нәрсеге әтираптағы адамлардың айыплы екенлигин, ал бизлер болса тек сол адамлар жеткизген жарақатлардың қурбаны екенлигимизди аңлатады.
Деген менен, Ҳаўа-енениң тарийхы үстинде ой жуўыртып отырып, бул ҳаялдың бахытсызлығына оның күйеўи, я балалары айыплы емеслигин түсинемиз. Ҳаяллардың машқаласында еркеклер айыплы деген көз-қарасты қоллап-қуўатлайтуғын ҳәзирги заман феминизмине қарамастан, Ҳаўа-енениң өмирин еркек бузған жоқ. Ҳаўа-ене де сол сыяқлы бунда өзиниң әтирапындағыларды айыплай алмайтуғын еди. Керисинше, ол шараятта әўметке ерисип ҳәм бахытлы болыў аңсат еди. Ҳаўа-ене ҳәм оның күйеўинде я қаржы машқаласы, я жумыстағы машқала, я унамсыз қоңсылар, я атызда тикенлер болмады, оларда ҳәттеки, қайын ене ҳәм қайын ата машқаласы да болмады!
Жүз берген апатта Ҳаўа-ене ҳеш кимди айыплай алмайтуғын еди. Машқала оның өзинен басланды. Ҳаўа-енениң өзи таңлады — бунда ҳеш кимди айыплаўдың кереги жоқ. Бул шешим оны еркинликтен айырды ҳәм оған, шаңарағына, кейинги әўладының ҳәммесине қорқынышлы апат келтирди.
«Мен өзим менен ҳеш нәрсе ислей алмайман» деген өтирик бизлерди әтираптағы адамлар ҳәм сыртқы шараятлардың ҳәлсиз қурбанына айландырады. Бул өтирик ким болса да ямаса не болса да басқа нәрсе бизлердиң келешегимиз ушын жуўап береди, өзгериўге бизлердиң бийлигимиз жоқ ҳәм бизлер әпиўайы ғана қуўыршақ екенимизди нәзерде тутады. Бизлер кимдур келип жипти тартқан ўақытта ғана қозғалыў керек дегенге, негедур исендик.
Бул өтирик бизлердиң өзгериўимизге ҳеш қандай үмит қалдырмайды. Шайтан, егер бизлер өзимизди услаўға уқыпсыз екенимизге исенсек, онда ҳеш қашан өзгермейтуғынымызды биледи. Бизлер қуллықта жасайтуғын боламыз. Егер бизлер әўметсизликке, гүна ямаса бахытсызлыққа гириптар екенимизге исенсек, онда әўметсизликти бастан
Бирақ, бизлерде таңлаў
«Алып болмайтуғын ҳуқықлар»… «Сен өзиңниң өмириң менен не ислесең де ҳуқықлысаң»… «Сапалы хызмет көрсетиў ҳуқықына ийесең!». Конституциядан баслап тез аўқатланыў ресторанының тармақларына шекем ҳәмме жерде — «мениң ҳуқықым бар» деген шақырықларды көриўге болады. Ол батыс цивилизациясының өзине тән паролине айланды. Бизиң әўладымыздың ҳаяллары тек оған жабысып алған.
Заманагөй феминистлер ҳәрекети ҳаяллардың ҳуқықларын қорғаў ушын дүзилген: даўыс бериў ҳуқықы, үй жумысларының шынжырларынан еркин болыў ҳуқықы, жумыста тең мүмкиншиликлерге ийе болыў ҳуқықы, еркеклер менен теңдей айлық алыў ҳуқықы, өз денеси менен не ислесе де ҳуқықлы, не қәлесе, соны айтыў, қандай болыўды қәлесе, сондай болыў ҳуқықы, күйеўиниң фамилиясын алмаў ҳәм «еркеклердиң зулымлықларының» басқа түрлеринен ғәрезсиз болыў ҳуқықы.
Ҳаялларды еркинлик ҳәм бахытқа жол өзиңниң ҳуқықыңды қорғаўда екенине исендирген. Ақыр-ақыбет «егер өзиңди-өзиң қорғамасаң, ҳеш ким сен ушын буны ислемейди!». Бирақ, мен ҳаяллар өзлериниң ҳуқықларын қорғағаны себепли бүгин сондай аянышлы жағдайға түсип қалғанын исеним менен айта аламан. Мен, «ҳуқықларыңды қорғаў» бәрҳа күткен нәтийжелерге алып келмейтуғынын көп еситемен:
Ҳақыйқатында дүнья жүзинде көплеген адамлар өзлериниң ҳуқықын қорғап емес, ал басқаларға жол берип жақсы қатнаслар ҳәм жетилискен мәдениятты дүзеди. Бизлердиң жол қағыйдаларымызда да усы тәртипти көриўге болады. Сизлер ҳеш жерде: «Сизиң жол ҳуқықыңыз бар» деген белгини көрмейсиз. Керисинше, бизлердиң белгимиз: «Жол бер» деп айтады. Бул тәртип жол ҳәрекетиниң тәртиби ушын қолайлы. Ол бизлердиң өмиримизге де жақсы тәсир етер еди.
Солай болса да, өзиңниң ҳуқықыңды қорғаў пикири — бул бос қыяллар. Алпысыншы жыллардың шатасыў ҳәм албыраўшылықлары ҳуқықлар ҳаққында философияны туўдырды. Бул пикир бизлердиң, масихыйлық мәдениятымыздың да бир бөлегине айланды. Ол бизлердиң сөзлеримизге де киреди. Ол бизлердиң дүнья қарасымызды қәлиплестиреди. Бүгинги күнде төменде көрсетилгенлер әдеттеги нәрселерге айланып кетти…
• сизиң бахытлы болыўға ҳуқықыңыз бар
• сизиң адамларды түсиниўге ҳуқықыңыз бар
• сизиң сүйикли болыўға ҳуқықыңыз бар
• сизиң белгиленген өмир дәрежесине, мийнетиңе туўры келетуғын ис ҳақыға ҳәм айырым жеңилликлерге ҳуқықыңыз бар
• сизиң жақсы некеге ҳуқықыңыз бар
• сизиң дослыққа ҳәм романтик мухаббатқа ҳуқықыңыз бар
• сизиң кәсиплеслериңизди ҳүрмет етиў ҳуқықыңыз бар
• сизиң күйеўиңиздиң баҳалаўына ҳәм балаларыңыздың ҳүрмет етиўине ҳуқықыңыз бар
• сизиң дем алыў күнине ҳәм мийнет дем алысына шығыўға ҳуқықыңыз бар
• сизиң жақсылап уйықлап алыўға ҳуқықыңыз бар
• сизиң күйеўиңиздиң үй жумысларында жәрдем бериўине ҳуқықы бар.
Ал ең баслысы, егер сизиң қәлеген ҳуқықыңыз бузылса, сизиң қарсылық көрсетиўге ҳуқықыңыз бар. Сизиң ашыўланыўға ҳуқықыңыз бар. Сизиң депрессияға түсиўге ҳуқықыңыз бар. Сизиң қандай да илажлар қабыллаўға ҳуқықыңыз бар. Сизиң өз ҳуқықыңызды талап етиў ҳуқықыңыз бар!
Ески Келисимдеги Юнус пайғамбар адамзаттың өз ҳуқықларын талап етиўге бейим екенлигин ҳәм бул «ҳуқықлар» бузылған ўақытта олардың ашыўға минетуғынлығын сүўретлеп береди. Юнус Ниневияның турғынларын жақсы көрмеўге ҳуқықының бар екенлигин сезди. Ол қай жерде қәлесе, сол жерде хызмет етиўге ҳуқықлы еди. Онда Қудайдың жалған пайғамбарларды қалай жазалайтуғынын көриўге ҳуқықы бар еди.
Қудай Юнустың ойлағанындай ислемеген ўақытта, «Юнус буған қатты қапа болды ҳәм ашыўы келди» (Юнус 4:1). Ол соншелли ашыўланғанлықтан, Қудайдан өзиниң жанын алыўды сорады. Өзин өлтириў ҳаққындағы ойлар сезимлериниң жарыққа шығыўының ақыбети еди.
Қудай Юнусты және оның ҳәлсиз сезимлерин аямады. Керисинше, қарсылық көрсеткен пайғамбардың алдына ҳуқықлар ҳаққында сораўлар қойды: «Қудай былай деди: „Сени бул соншелли ашыўландырды ма?“».
Юнус бул сораўға жуўап бериўден бас тартты.
Ол Ниневияның шетине барып, өзине ылашық соқты ҳәм Қудай Өзиниң шешимин өзгертип, қаланы жоқ қылмас па екен, — деп күтип отырды. Қудай Өзиниң мийрими менен мынаны жаратты, «өсимликти, ол Юнустың басының үстинде сая болыўы ҳәм оны ашыўдан азат етиўи ушын көтерилди;
Юнустың сезимлериниң жағдайы оның ҳуқықларының қорғалыўынан ғәрезли екенин көрдиңиз бе? Юнусқа ол жек көрген жалған пайғамбарларға Қудайдың мийримли болғаны унамады ҳәм ол Қудайға ашыўланды. Бирақ, Қудай оған жубаныш, яғный, шығыс қуяшының ыссылығынан қорғайтуғын сая бергенинде Юнус қуўанды.
Бирақ, оның қуўанышы узаққа созылмады, себеби келеси таңда Қудай бул өсимликти жейтуғын қуртты жиберди ҳәм ол қуўрап қалды. Кейин Ол Юнусқа жаман болатуғындай шығыстың қапырық самалын ҳәм қыздыратуғын қуяштың нурларын жиберди. Пайғамбар және өзине өлим сорады. Қудай және Юнустың ҳуқықлары ҳаққында айтты: «Сен өсимлик ушын соншелли қатты қапа болдың ба?».[1]
Юнус былай жуўап берди: «Өлгенинше, қатты қапаландым» [2] (Юнус 4:9).
Юнусқа өз өмирин ҳәм сыртқы жағдайларды басқарыўға, әтирапында ҳәммеси өзи қәлегениндей болыўға ҳәм бир нәрсе келиспеген ўақытта ашыўланыўға ҳуқықы бардай көринди. Өзиниң ҳуқықын талап етиўге талпыныў Юнусты сезимлериниң тегис болмаўына, жалғызлыққа ҳәм Қудайдан бет бурыўға алып келди.
Айырым ўақытлары Юнустың ўақыясы жеке мениң ўақыяларымды қатты еслететуғыны ашынарлы. Көбинесе, мен ҳәммеси
Бул сезим ҳәм руўхый әткөншекти тоқтатыўдың жалғыз усылы — бул өмирде ҳәмме нәрсеге айрықша ҳуқыққа ийе болған Қудайға өзиңниң ҳуқықларың ушын
Бизиң жәмийетимиз бул өтирикти қызлар ҳәм ҳаялларға кишкене жасынан баслап ўаз етип келген. Бул өтирик ҳәмме жерде еситиледи: телевидениеде, киноларда, қосықларда, журналларда, китаплар ҳәм рекламаларда. Бизлерди, өмирде ҳәммесинен әҳмийетлиси сыртқы сулыўлық екенине исендиреди. Ҳаяллар олардың сөзлерине исенеди: аўа, ең баслысы — сулыўлық, денениң сулыўлығы. Ата-аналар, инилер ҳәм сиңлилер, муғаллимлер ҳәм дослар айырым ўақытлары билмеген ҳалда буған қосылады: онша сулыў емес балалар жағымсыз ескертиўлердиң, бийпарўалықтың ҳәм ашық бас тартыўлардың объекти болған ўақытларда «жақсы» балалар өзлерине «ох», «ах» алады.
Сыртқы көриниске қызығыў биринши ҳаялларда пайда болғанына мен исенемен. Ҳаўа-енени қадаған етилген жемисте не тартқаны есиңизде ме?
Ҳаял ағаштың қасына барып, жемисиниң жеўге жақсы ҳәм көз тартарлық сулыў екенин және өзин ақыллы етиўге қызықтырып турғанын көрип, жемисти алып, жеди…
Теректиң жемислери пайдалы еди (терек «жеў ушын жақсы» еди), олар сондай — ақ, Ҳаўа-енеге керекли даналықты ўәде етти. Бирақ, олардың «көзге жағымлы» болғанлығы да әҳмийетли фактлердиң бири-олар физикалық сулыў еди. Душпан исеним ҳәм бойсыныў сыяқлы белгили сапаларға қарағанда, физикалық сулыўлықты көбирек баҳалаўға мәжбүр етти. Машқала теректиң сулыўлығында емес еди-оны Қудай усындай етип жаратты. Ҳаўа-ене Қудайдың жаратқанының сулыўлығынан рәҳәтлене алатуғын еди, бирақ ол сыртқы көринисине көп қызықты. Ол жалған сөзге исенди ҳәм оның тийкарында ҳәрекет етти.
Физикалық сулыўлықтың абыройы ҳәмме адамлар ушын нормаға айланды. Сол ўақыттан баслап Ҳаўа-ене ҳәм оның күйеўи өзлерине ҳәм өзлериниң денелерине басқаша көз бенен қарай баслады. Олар өзлерине сырттан қарады ҳәм өзлериниң денесинен-сүйиўши Қудайдың шеберлик пенен жаратқан денесинен уялды. Олар бир-бириниң алдында жалаңаш қалыўдан қорқып, денесин жабатуғын нәрсе излей баслады.
Физикалық сулыўлық жүрек, руўх ҳәм өмирдиң сулыўлығынан әҳмийетли деген өтирик, еркеклер ҳәм ҳаялларды өзлерин сулыў емес, көриксиз сезип, қысыныў ҳәм өзинен уялыўға мәжбүрлеп атыр. Бирақ, физикалық сулыўлыққа талпыныў, сөзсиз, кеўил қалыўға алып келеди, себеби бул қол жетпейтуғын мақсет.
Ҳәтте, ең көркем, әжайып ҳаяллар да өзлерин сулыў деп сезбейтуғынын мойынлайды. Голливуд гөззалларының бири Мэг Райан былай дейди: «Мен бир қанша таң қаларлы көринистемен деп ойлайман. Егер мен өзимниң сыртқы көринисимди өзгерте алатуғын болғанымда, онда узын аяқлар, кишкене табан ҳәм кишкене мурынды қәлер едим».
Бәлким, сизлер физикалық ҳәм сыртқы көринисти жүдә көп баҳалаўымыздың зыян келтиретуғынын көрмейтуғын шығарсыз. Келиң тийкарғы пикиримизге қайтайық: исенимлер өмир сүриў қәлпин белгилейди. Егер бизлер жалғанға исенсек, онда ерте ме, кеш пе бул жалғанның тийкарында ҳәрекет етип баслаймыз. Ал, егер бизлер жалғанға исенип ҳәм оның тийкарында ҳәрекет етсек, онда қуллыққа түсемиз.
Мына ҳаяллардың ҳәр бири сулыўлық ҳаққында белгили өтирикке
Өзиңди басқалар менен салыстырыў, қызғаныш, жарысыўшылық, адамгершиликсиз ҳәрекетлер, жынысый қатнасқа қатты қызығыў, надурыс аўқатланыў, әдепсиз кийимлер, назлылық ҳәм еркеклер менен ойнаў-сулыўлық ҳаққында надурыс көз-қарастың ақыбетиниң толық емес дизими. Ҳаялларды бул қуллықтан не азат ете алады? Бизлер исенген өтирикти жеңиўге тек ҳақыйқатлық жәрдем бере алады. Қудайдың Сөзи бизлерге тәбийий физикалық сулыўлықтың өткинши ҳәм өтпейтуғын ишки сулыўлықтың әҳмийети ҳаққында ҳақыйқатлықты ашады:
Мүләйимлилик өтирикши ҳәм сулыўлық жалықтырады, бирақ Қудайдан қорқатуғын ҳаял алғысқа ылайық.
Сулыўлығыңыз тек сыртқы безениўлерден: әшекөйленген шашлар, тағылған алтынлар ҳәм сәнли кийимлерден ғана ибарат болмасын. Ал сулыўлығыңыз сырлы болған ишки дүньяңыздан, яғный жумсақ ҳәм тыныш болған жоғалмайтуғын руўхый гөззаллықтан ибарат болсын. Бул Қудай алдында жүдә қымбатлы. Өтмиште Қудайдан үмит еткен мухаддес ҳаяллар да өз күйеўлерине бойсынып, усылай ислеген.
Бул аятлар, физикалық сулыўлық өз-өзинен гүналы ямаса өзиңниң сыртқы көринисиңе дыққат аўдырыўдың ҳеш кереги жоқ деп тастыйықламайды. Бундай көз-қарас, сыртқы сулыўлық-өмирдеги баслы нәрсе деген тастыйықлаў сыяқлы қәте.
Мухаддес Жазыў ҳеш жерде сыртқы сулыўлықты қараламайды ҳәм сыртқы көринис ҳеш қандай әҳмийетке ийе емес деп айтпайды. Ол Қудайдың берген сулыўлығына шексиз әҳмийет беретуғын ямаса жүректиң талапларына зыян келтиретуғын физикалық мүтәжликке ғамхорлық ететуғын адамды ескертеди.
Шайтанның шеберлигиниң бири-бизлерди бир ақырғы шектен екиншисине түсиўге мәжбүрлеў. Бизиң мәдениятымызда кийимдеги тазалықты, тәртип ҳәм жақсы талғамды кейинги ўақытлары баҳаламайды. Айырым ўақытлары мен масихый-ҳаялларға былай айтқым келеди: «Сиз өзиңиздиң ким екениңизди билесиз бе? Қудай сизлерди ҳаял қылып жаратты. Оның сыйын қабыллаң. Нәзик болыўға, физикалық ҳәм руўхый сулыўлықты көрсетиўге қорықпаң. Сизлер Қудайдың балаларысызлар. Сизлер-Масихтың Қалыңлығысыз. Сизлер Патшаға тийислисиз, сизлер патшаның шаңарағынансыз. Сизиң бийик ҳәм мухаддес уқыбыңызды сәўлелендиретуғындай етип кийиниң ҳәм өзиңизди тутың. Қудай сизлерди дүньядан шақырды, дүньяға сизди өзиниң қәлегениндей етип қәлиплестириўине жол қоймаң. Өзиңизди дүньядағыдай етип тутпаң, пикирлемең ҳәм кийинбең. Адамларға Оның сизиң өмириңизди иштен ҳәм сырттан қалай етип өзгерткенин көриўине рухсат етиң».
Бизлер, жүрегимизде Масих жасап атырған ҳаяллар, сулыўлығымызды, тәртибимизди, әжайыплығымызды ҳәм Қудайдың жарылқаўын өзимиздиң ишки ҳәм сыртқы адамымызда сәўлелендириўимиз керек.
Масихый-зайып ҳаял бул сораўда керекли тең салмақлылықты излеўге көбирек себеплерге ийе. Сулайманның нақыл мақаллары китабындағы «адамгершиликли ҳаял» жақсы физикалық формада болып ҳәм жақсы кийинген еди (Нақ-мақ 31:17, 22 — қа қараң). Ол өзиниң күйеўине данқ алып келетуғын еди.
Егер ҳаял паспанда ҳәм жағымсыз кийинетуғын болса, егер ол өзиниң сыртқы көринисине ҳеш қарамаса, онда ол өзиниң күйеўиниң абройын төгеди (ҳәм өзиниң Аспандағы Күйеўиниң де). Буннан тысқары, егер ол өзиниң күйеўи ушын сулыў көриниў ушын ҳеш қандай ҳәрекет етпесе, онда оның дыққатын тартыўға басқа ҳаял ҳәрекет ететуғынына исениўиңиз мүмкин.
Елши Павел Тимофейге ибадатхананы қандай қойыў кереклиги ҳаққында жазғанда, ҳаяллардың қалай кийиниўи кереклиги ҳаққында да жазды. Оның көрсетпелери бизлерге ҳаяллардың ишки дүньясы, оның жүреги ҳәм оның сыртқы көриниси ҳәм минез-қулқының арасында теңлик табыўға жәрдем береди. Павел ҳаялларды…
Ҳаяллар да шашларына артықша сән бермей, өзлерин алтынлар, ҳинжилер ямаса қымбат кийимлер менен емес, ал сыпайы кийим, әдет ҳәм ийбе менен безесин. Керисинше, олар Қудайдан қорқып жасайтуғын ҳаялларға ылайықлы жақсы ислер менен өзлерин көркем қылсын.
Бул текстте келтирилген «безеў» ҳәм «сыпайы» сөзлери, «тәртипли, жақсы ойланған, ылайықлы»ны билдиреди, «үйлесикли дүзилиў»ди нәзерде тутады. Масихый-ҳаяллардың сыртқы көриниси әпиўайы, таза жүректи сәўлелендириўи керек; оның кийимлери ҳәм шаш түрмеги өзлериниң ҳәдден тыс айрықша ямаса әдепсизлиги менен өзине дыққатты тартпаўы керек. Сол ўақытта ғана ол өзиниң жүрегиниң жағдайын ҳәм Қудай менен қатнасын көрсете алады.
Мен қырқ жасқа кириўден, маған қартайыўға қарсы түрли нәрселерди дағазалайтуғын каталогларды жибере баслады. Олар мениң теримниң жас ҳәм таза көрниниўине, жыйрықлардың аз болыўына, көзимниң астындағы көклердиң жоқ болатуғынына, көп күш болыўына, тырнақ ҳәм шашларымның сулыўырақ болыўына, ал көриў ҳәм еситиў қәбилетлеримниң жаксыланыўына ўәде береди. Буннан көринип тур, жас өткен сайын, өзин жасырақ сезип ҳәм жасырақ көриниўи ҳаялдың ең баслы мақсети.
Бирақ мен бәрибир
Бирақ мен буның апат ямаса мениң биологиялық саатларымдағы тиллерди арқаға қайтарыў мүмкин деген өтирикке исениўден бас тартаман. Мен өзимниң физикалық қартайыўымды тезлетиўге ҳәрекет етпеймен, бирақ қашып болмайтуғын нәрседен басым менен гүресиўге кетежақ емеспен. Қартайып баратырып мен Қудайдың пикири бойынша ҳәммесинен не әҳмийетли екенлиги ҳаққында көбирек ойлаўды қәлеймен, — мысалы, мен Мухаддес Руўхқа өзимде мийримли, дана ҳәм миннетдаршылықлы жүректи тәрбиялап шығарыўға рухсат беремен бе.
Қандай ишимлик ямаса дәрилерди сатып алыўымнан, кимниң хызметинен пайдаланыўымнан ғәрезсиз, мен денемде артқа қайтарып болмайтуғын процесс жүз берип атырғанын билемен. Керисине исениў-демек алданыў. Бирақ мен әдил адамның жердеги жоллары толық күнге дейин жарқырайтуғын нурлы жарықтай (Нақ. мақ. 4:18) екенин билемен. Бул денемиздиң ҳәлсизленип атырғанына қарамастан, бизлер байырақ ҳәм сулыўырақ болыўымыз мүмкин болған өмирдиң айрықша өлшеми бар екенин билдиреди.
Ҳақыйқатлық сонда, егер бизлер өзлеримиздиң күшимизди ҳәм ўақтымызды тик, сулыў, жас болып қалыў ушын ҳәм жақсы форманы сақлаў ушын сарпласақ, онда бул мақсетке жетиўимиз мүмкин-тек қысқа ўақытқа ғана. Бирақ, өзимизде Қудайға унайтуғын ҳәм бизлер менен мәңгиге қалатуғын сол ишки сулыўлық, минез ҳәм жарықлықты раўажландырмағанымыз ушын бизлер өкинетуғын күн келеди.
Бул өмирди қәте қабыллаўдағы және бир өтирик. Бизиң жәмийетимизде ҳәмме қәлеўлер орынланыўы керек (мүмкин болғанша тез ҳәм жеңил)-деген философия ҳүким сүрип атыр.
Бул философия бизлерди қәлеўлеримизди анықлаўға ҳәм бул «мүтәжликлерди» толықтырыў ушын илажы барынша тезирек керекли нәрселерди ислеўге шақырады. Солай етип, егер сиз аш болсаңыз-аўқатланың. Егер сиз өзиңизге унаған нәрсени ала алмасаңыз қарыз алың. Егер сиз романтиканы қәлесеңиз, онда еркеклердиң дыққатын аўдаратуғындай етип кийиниң ҳәм өзиңизди тутың. Егер сиз жалғыз болсаңыз, жумысыңыздағы үйленген еркекке жүрегиңизди ашың.
Кейинги сапары дүканда болғаныңызда, әдетте аўызда сатылатуғын ҳаяллар журналларына ҳәм китапларына дыққат аўдарың. Олардың сыртқы бетлеринде сизиң қәлеўлериңизди қанаатландырыўға ўәделер көп:
• «Жақсы көриниўдиң ҳәм өмирден қанаатлыныўдың 99 усылы».
• «Қалай аўқатланыўдан бас тартпай артық аўырлықты таслаўға болады».
• «Көшеде отыз градус ыссы болып турғанда қалай жүз процент жақсы көриниўге болады».
• «Өзиңизди еркелетиң: көзди ашып жумғанша узын шашлар, үй шараятында сулыў күнге күйиў».
• «Сизиң қәўметиңизди сақлайтуғын, бетиңиздиң реңин жақсылайтуғын ҳәм сизге көп күш беретуғын әдет».
• «Жеңил өмир: қызықлы жумыс, таң қалдырарлық көйлек, ойсыз әрманлар ҳәм ақыллы шешимлер».
Сизиң қәлеўлериңизди қанаатландырыўға бәрҳа усыллар табылады-бул болыўы мүмкин:
• «Қалай…» деп аталған китап,
• мухаббат романы,
• дүкан аралаў,
• саяхат,
• таза шаш түрмеги, кийим, үй, әтир, жумыс ямаса күйеў,
• үлкен көп еритилген сыр салынған пицца.
Ең жақсы жағдайда, бундай пикирлеў ҳаяллардың үмитлерин ақламайды ҳәм олардың қәлеўлерин орынламайды. Олар ишки бослықты толтырыўды излеўде адасыўды даўам етеди.
Ең жаман жағдайда, бул өтирик мүмкин емес аўырыў алып келеди ҳәм азатлықты урлайды. Дәл сол нәрсе қәўетерлениўдиң, қапашылықтың ҳәм депрессияның себепшиси болады. Бул өтирик көплеген қызларды, төсектеги жыллылық ҳәм дослықты ўәде етиўдиң орнына қызлық арнамысын бериўге мәжбүр еткен. Ол көплеген турмысқа шыққан ҳаялларды, ҳаяллардың сезимлерин түсинетуғындай болып көринетуғын кәсиплесиниң қушағына алып барды. Бул өтирик көплеген жас жубайларды надурыс ҳалда некеден өтиўге мәжбүр етеди. Ал кейин болса бул жуптылылардың көпшилиги ажырасты ҳәм булардың барлығы ишки терең мүтәжликлерди қанаатландырыўды қәлеўинен болды.
Бизлер Кармен деп шақыратуғын ҳаялды бул өтирик мине қай жерге алып барды:
Басқа ҳаял, Эйлинниң ўақыясы, бул өтириктиң қандай күшли сезимлердиң ҳәм жеккеликтиң бузылыўына алып келетуғынын көрсетеди:
Бизлерди өтириктиң қурсаўынан қандай ҳақыйқатлық азат етеди?
Бириншиден, бизлер
Бизлердиң қәлеўлеримиз өз-өзинен гүналы емес екенин есте тутыў әҳмийетли. Ҳақыйқаттан жаманы, бул усы жерде ҳәм ҳәзир қалай болса да қәлеўлериңниң орынланыўын талап етиў.
Қудай жынысый қәлеўди жаратты. Бул мүтәжликти қанаатландырыў жақсы, бирақ тек некеде. Бирақ, дүнья егер жынысый жақынлықты қәлеў болса, оны орынлаўға толық ҳуқықымыз бар-қай жерде, қашан, қалай ҳәм ким менен екени әҳмийетли емес, — деп айтады.
Дәл сондай физикалық аш болыўды бастан өткериў өз-өзинен жаман емес. Өзимиздиң сезимлик ҳәм руўхыйлық мүтәжликлеримизди қанаатландырыўға ҳәрекет етип өзимизди аўқат пенен тығыў жаман.
Қудай бизлерге қәлеўлеримизди қанаатландырыўдың нызамлық шәраятын бермегенше, бизлер барына қанаатлыныўды үйрениўимиз керек.
Екинши ҳақыйқатлық, бизиң жүрегимиздиң терең мүтәжликлери ҳеш қандай адам ямаса нәрселер менен қанаатланыўы мүмкин емеслигинен турады. Бул маған ҳақыйқый руўхый еркинлик алып келген ҳақыйқатлықлардың бири. Мен көплеген жыллар мени бахытлы қылатуғын адамлар ҳәм шәраятларды изледим. Олар қайта-қайта мени алдады ҳәм мен депрессияға түсип, менде кеўил қалыў болатуғын еди.
Ҳақыйқатлық мынада, қәлеген жаратылыс, бизлердиң кеўлимизди, әлбетте, қалдырады. Нәрселер жанып кетиўи ямаса сыныўы, жойтылыўы ямаса жоқ болыўы мүмкин. Адамлар көшип өтиўи, өзгериўи, бизлерди алдаўы ямаса өлиўи мүмкин. Бул ҳақыйқатлықты түсиниў ушын бир неше жыл алдын маған бир неше қәдирли адамларды жойтыўға туўра келди. Егер жүрегимниң тереңинде қәлегенимди қанаатландырыўды адамлардан күтетуғын болсам, мениң бәрҳа кеўлим қалатуғын болады.
Мен көплеген Қудайға садық турмысқа шықпаған әжайып масихый-ҳаяллар менен сөйлестим. Олар жалғызлық пенен гүресиўдиң қандай қыйын екенин айтып беретуғын еди. Бирақ, некениң бәрҳа жалғызлықтан азат етпейтуғынын есте тутың. Мен терең жалғызлық сезими менен ҳәм өзлериниң басқалардан ажыратылған ҳалда жасап атырған көплеген некели ҳаялларды билемен. Ҳәммеси жердеги ҳеш бир еркек ҳаялдың жүрегиндеги терең қәлеўлерин қанаатландыратуғын аўҳалда емеслигинде. Қудай бизлерди Өзинен басқа ҳеш ким, ҳеш қашан қанаатландыра алмайтуғындай етип жаратты (Забур 15:11, 33:9-11 — қа қараң).
Сиз турмысқа шықтыңыз ба ямаса яқ па, қәлеўлер-бул жаман емес ҳәм жақсы да емес, олар бизлердиң руўхый дәрежемизди белгилемейтуғынын түсиниўиңиз керек. Бундай қәлеўлерди қабыл етип, оларды Қудайға тапсырып ҳәм оларды Ол орынлаўын күтиўди үйрениў керек.
Бизлер Қудай ҳаққындағы надурыс көз-қарастың өзимиз ҳаққындағы надурыс көз-қарастың пайда болыўына себепши болатуғынын ҳәм бул баслы бөлимлердиң қәлегениндеги өтирик өмиримизге тәсир ететуғынын көрдик. Қудай ҳаққында ямаса өзиң ҳаққыңда өтирикке исениў, сөзсиз гүна ҳаққында өтирикке алып келеди.
ӨТИРИК
7. МЕН ҲЕШ КИМ ЕМЕСПЕН
ҲАҚЫЙҚАТ
• Мениң баҳалылығым мен ҳаққында басқалардың ямаса өзимниң не ойлайтуғыным менен анықланбайды. Мениң баҳалығым Қудай мени қандай көриўинен анықланады.
• Қудай ушын пүткил дүньяға қарағанда мениң жаным қымбатлырақ.
• Мен Қудайдың баласыман, Оның байлығы ҳәм ғәзийнесимен.
ӨТИРИК
8. МЕН ӨЗИМДИ СҮЙИП ҮЙРЕНИЎИМ КЕРЕК
ҲАҚЫЙҚАТ
• Мен Қудайдың сүйиспеншилигин исеним менен қабыллаўым керек.
• Мен әлле-қашан өзимди сүйемен. Мен өзимнен бас тартыўға ҳәм Қудайға маған әтираптағыларға деген сүйиспеншиликти саўға етиўине рухсат етиўди үйрениўим керек.
ӨТИРИК
9. МЕН ӨЗИМ МЕНЕН ӨЗИМ ҲЕШ НӘРСЕ ИСЛЕЙ АЛМАЙМАН
ҲАҚЫЙҚАТ
• Егер мен Қудайдың баласы болсам, онда Қудайды аңлы ҳалда тыңлай аламан.
• Өзимниң таңлаўыма тек өзим жуўап беремен.
• Мен Мухаддес Руўхтың күши менен өзгере аламан.
ӨТИРИК
10. МЕНИҢ ҲУҚЫҚЛАРЫМ БАР
ҲАҚЫЙҚАТ
• Ҳуқықымды талап етиў, демек-бул ҳуқықларыңның қуллығында болыў.
• Өзимниң ҳуқықларымнан бас тартыў мени азат етеди.
ӨТИРИК
11. ИШКИ СУЛЫЎЛЫҚҚА ҚАРАҒАНДА СЫРТҚЫ СУЛЫЎЛЫҚ ӘҲМИЙЕТЛИ
ҲАҚЫЙҚАТ
• Сыртқы сулыўлық ўақтынша, ерте ме, кеш пе ол жоқ болады.
• Қудай ушын мениң руўхый сулыўлығым ҳәм минезим ҳәммесинен әҳмийетли.
ӨТИРИК
12. МЕНИҢ ҚӘЛЕЎЛЕРИМНИҢ ҲӘММЕСИ СӨЗСИЗ ОРЫНЛАНЫЎЫ КЕРЕК
ҲАҚЫЙҚАТ
• Жерде де мениң көпшилик қәлеўлерим орынланбай қалады.
• Ҳеш бир жаратылыс мениң жүрегимниң терең мүтәжликлерин қанаатландыра алмайды.
• Егер мен мүтәжликлеримди тән алсам, онда Қудайға көбирек мүтәж боламан ҳәм Аспанға талпынаман.
1. Қудай менен КЕЛИСИҢ.
Өзиңиз ҳаққында қандай өтирикке исендиңиз?
2. Жуўапкершиликти өзиңизге АЛЫҢ.
Бул өтирикке исениў сизиң жасаў қәлпиңизге қалай тәсир етти (сизиң қатнасыңыз ҳәм ҳәрекетиңиз)?
3. Ҳақыйқатты ЖӘРИЯЛАҢ.
Жоқарыда келтирилген ҳақыйқатлықтың ҳәр бирин даўыслап оқың. Усылардың қайсысы ҳәзир сиз ушын айрықша әҳмийетли?
Өзиңиздиң ақылыңызды Қудайдың Сөзи менен жаңартың. Даўыслап келеси үзиндилерди даўыслап оқың. Бул аятлар сизлерди Қудайдың қалай қабыллағаны ҳаққында не айтады?
Забур 138:13-18
Ефес 1:3-8
Рим 5:6-8
Рим 8:1-2, 13, 15-17
4. Ҳақыйқатлық тийкарында ҲӘРЕКЕТ ЕТИҢ.
Өмириңиз ҳақыйқатлыққа туўра келиўи ушын қандай адым атыўыңыз керек?
5. Ҳақыйқатлықта жүриўиңиз ушын Қудайдан жәрдем СОРАҢ.
ТӨРТИНШИ БАП
ҲАЯЛЛАР ИСЕНЕТУҒЫН ӨТИРИК… …ГҮНА ҲАҚҚЫНДА
Ромеро шаңарағы питон Саллиди үй ҳайўаны сыпатында сатып алғанында, оның узынлығы тек ғана 30 сантиметр еди. Сегиз жылдан кейин ол 3,5 метрге шекем өсти ҳәм 36 килограмм салмақта болды. Кейин 1993-жылы 20-июльде бирманлы питон Салли он бес жасар Дерекке ҳүжим жасады ҳәм өз шеңберлеринде баланы өлемен дегенше туншықтырды.
Қорқынышлы бир ўақытта сондай зыянсыз ҳәм бойсыныўшы жаратылыс бирден қанхор қәўипли мақлуққа айланды. Ҳеш нәрседен гүманланбастан «үй ҳайўанларын» сақлап алған адамлар оларға ғамхорлық еткенде, өзлерине қарсы шығып, олардың турмысын бузды. Басқаша мәниде буған таң қалыўдың ҳеш қәжети жоқ, себеби питон өзи ушын тәбийий болған нәрсени иследи.
Гүна да дәл солай ислейди. Ол бизлерди қызықтырып бизлер менен ойнаўы мүмкин, бизлер менен уйықлап ҳәм бизлердиң кеўлимизди көтериўи мүмкин, бирақ оның тәбияты ҳеш қашан өзгермейди. Ол өзи менен досласқанларды жеп, оларға қарсы шығады.
Қәлеген өтирик өлимге гириптар етеди. Бирақ шайтанның бизлерди Қудай ҳәм гүна ҳаққында исендириўлеринен артық өлим келтиретуғын өтирик жоқ. Ол бизлерди Қудайдың Өзин көрсетип атырғанындай емеслигине ҳәм гүна Қудайдың тастыйықлайтуғынындай қәўипли емеслигине исендиргиси келеди. Шайтан бизлерге Масихтың қудайлық жарқыраўын ҳәм гүнаның әҳмийетлилигин сүўретлейтуғын картинаны соғып береди. Ол бизлерге Қудайды онша жақсы емес, ал гүнаны онша жаман емес етип көрсетеди.
Заманагөй технология ең көриксиз фотокөринисти сулыў көринетуғындай қылып өзгерте алады. Шайтан да гүна менен тап соны ислеп атыр. Ол ҳийлекерлик пенен көринисти бурмалайды ҳәм жек көринишли, қорқынышлы нәрсе әжайып көркем өнер шығармасына айланады.
Бирақ гүнаның басқа кийимлерге кийиниўи оның тәбиятын өзгерте алмайды. Зыянсыз ҳәм тыныш көринген питонның ўақыясындай, бир күни оның ҳақыйқый өлим келтиретуғын тәбияты ашылатуғын ўақыт келеди.
Шайтан ақырында бизлер ойлағанымыздан да қымбатқа түскен Едемдеги жәнжелди келтириў ушын өтирикти қолланған еди. Оның бүгинги өтириги, тийкарынан, биринши ҳаялды исендирген өтириктен ҳеш қандай парқ қылмайды.
Бул, бәлким, гүна ҳаққындағы шайтанның ең тийкарғы өтириги шығар. Қудай Адам-атаға: «Егер сен бул теректен жесең, сен өлесең», — деп айтты. Буйрық анық еди: «Жеме». Бойсынбаўдың ақыбети де сондай анық еди: «Сен өлесең».
Шайтан Ҳаўа-енени бундай тыйымды орнатқан Қудайдың мийримлигине ҳәм Қудай оның өмирин басқарыўға ҳуқықы барлығына гүманланыўға мәжбүрлегенинде, ол кейин барып оның ақыбетине гүманланыўға мәжбүрледи. Ол Қудайдың сөзлерине ҳүжим етти: «Ҳәм жылан ҳаялға: яқ өлмейсизлер, — деди» (Жарат 3:4).
9-забурда автор үш мәрте не ушын адамлар Қудайды тыңламайтуғының себебин түсиндиреди, — олар бул ушын өзлерине ҳеш нәрсе болмайды деп есаплайды:
Өз жүрегинде айтыў: «екиленбеймен, әўладқа ҳәм әўладта маған зулымлық жүз бермейди»… …өз жүрегиңде айтыў: «Қудай умытты, Өзиниң жүзин жаўды, ҳеш ўақытта көрмейди». <…> Не ушын әдалатсыз өз жүрегинде: «Сен таба алмайсаң?», — деп айтып, Қудайдан бас тартады.
Душпан бизлерди мыналарға исендиргиси келеди:
• бизлердиң гүналарымыз ҳүким етилмейди;
• мен не ексем, соны ормайман;
• бүгин мен ислеген таңлаў, нәтийжелерге ийе болмайды;
• мен от пенен ойнап күймеўим мүмкин.
Өтириктиң түрлериниң көпшилигиндеги сыяқлы, бизлер бул өтирикке билмеген ҳалда исенемиз; бизлер ҳәтте, усындай пикирлерден актив бас тарта аламыз. Бирақ егер бизлер гүна ислеўди шешсек, онда бул бизлердиң онда ҳеш қандай қорқынышлы нәрсени көрмегенимиз себепли жүз береди. Сол ўақытта бизлер тойғанымызға қарамастан десерттиң екинши порциясын да… ойламастан жеймиз.
• бир неше сааттан кейин бизлердиң қарнымыз қампаяды;
• ертең бизлер тәрезиде турғанымызда, бизлер өзлеримизге азғырылыўға берилгенимиз ушын урысамыз;
• бундай «келисиўлердиң» бир нешеўи артықша салмаққа ҳәм айып сезимине, жаман кейпиятқа ҳәм депрессияға алып келеди;
• көп жеў жүрек, диабет, урылыў ямаса инфаркт машқаласының себеби болыўы мүмкин;
• бул тараўдағы тыйымның жетиспеўшилиги бизлерди басқа әҳмийетлирек тараўларда тыйымсызлыққа дуўшар етеди;
• қәлеўлерге жол қойыўшылық бизлердиң балаларымыздың минезинде көриниўи мүмкин ҳәм олар да тыйымсыз болады.
Бизлер өзимизди дүньялық философияны сүўретлейтуғын ҳәм нызамның дәрежесине әдалатсызлык, уятсызлық ҳәм кери минез-қулықты туўғызатуғын әдебиятлар, фильмлер, телебағдарламалар ҳәм нама менен кеўлимизди көтериўимиз мүмкин. Усының менен бизлер… ойланбаймыз да.
• бизлер гүнадан бас тартыўды тоқтатамыз ҳәм оған берилиўшең болып қаламыз;
• бизлер гүнаға талпыныўды баслаймыз ҳәм бизлерде мухаддесликти қәлеў жоқ болады;
• бизлер өзлеримиздиң Қудай менен қатнасымызға дийўал орнатамыз;
• бизлер өзлеримиздиң ақылымызды дүньялық пикирлеўге туўрылаймыз (ал бизлердиң пикирлеўимиз ақыр-ақыбет, бизлердиң өмиримиздиң образын белгилейди);
• бизлер көргенимизди ҳәм еситкенимизди өмиримизде көрсетиў ушын мүмкиншиликти өсиремиз;
• бизлер жынысый қатнасықты, дүньялық етип қабыллаймыз, соның менен бирге өзлеримиздиң тазалығымыздың ямаса некемиздиң бузылыўына тәўекел етемиз;
• бизлер балаларымыздың ҳәм ақлықларымыздың әдалатсыз ҳәм уятсыз болыў мүмкиншилигин өсиремиз.
Бизлер ерте ме, кеш пе өзлеримиздиң қайғымыздың…
• саналы пикирлеў қәбилетин бузғанына;
• бизлерди бахытсыз ҳәм сезимлерди турақсыз қылғанына;
• бизлердиң организмимизге тәсир етиўине ҳәм бизлерде өтлескен шаршағанлық, тез ҳәлсизлениў, бас аўырыў, булшық етлердиң тартылыўы ҳәм ас сиңириўдеги машқалалардың пайда болғанына;
• бизлерге гүналарымыз ушын Қудайдан кеширимди қабыллаўға кесент еткенине;
• жақынларымыздың өмирин шыдап болмайтуғын дәрежеге алып келгенине ҳәм олардың бизлер менен сөйлескиси келмей қалғанлығына қапа боламыз.
Бизлер жумыста ямаса тосаттан танысқан мийримли, әдепли еркекке өзимизге жүдә жақынласыўға жол қойғанымызда, мыналарға исениўден бас тартамыз:
• өзлеримиздиң жүрегимизде садықсызлықтың туқымын егемиз;
• бизлер күйеўимизди бизлерге унаў мүмкиншилигинен айырамыз, себеби ҳақыйқатлық қыяллар менен теңлесе алмайды;
• бизлер бул еркектиң ҳәм өзимиздиң некемизди бузыўымыз мүмкин;
• бизлер өзлеримиздиң балаларымыздың өмирин бузыўымыз мүмкин;
• егер бизлер бул еркек пенен неке ҳадаллығын бузбасақ та, бизлер келешектеги әдеп-икрамлығымыздың қулаўының жолында турыўымыз мүмкин;
• бизлер өмирлик жолдасымыз, балаларымыз, күйеўлеримиздиң ағайинлери ҳәм Қудайдан үмитсиз алыслаўға түсиниўимиз мүмкин.
Бизлер бәрҳа өзлеримизге шайтанның өтирикши екенин еслетиўимиз керек. Қудай гүна деп атайтуғынына, шайтан былай дейди:
• Ҳақыйқатлық, гүнаның қәўипли, өлтириўши ҳәм қыйратыўшы екенлигинде.
• Ҳақыйқатлық, бизлердиң не ексек, соны оратуғынымызда.
• Ҳақыйқатлық, бүгин бизлер ислеген таңлаўдың, нәтийжеге ийе болатуғынында.
• Ҳақыйқатлық, егер от пенен ойнасақ, онда күйетуғынымызда.
• Ҳақыйқатлық, «исленген гүна, өлим туўдыратуғынында» (Яқып 1:15).
Тилекке қарсы, көплеген адамлар өзлериниң тәбийий денелик таңлаўлары менен буның олардың некесине, ден-саўлығына, Қудай менен ҳәм адамлар менен қатнасына тәсир ететуғынының арасындағы байланысты қадағаламайды.
Шайтан бизлерди гүнаның жазаланбайтуғынына, бийкарға исендирмейди. Едемде ол Ҳаўа-енеге: «Сизлер тек Қудайға қулақ аспаў ҳәм жағымсыз ақыбетлерден қашып ғана қоймай, егер сизлер бул жемислерди жесеңиз, сизлер сондай-ақ, буннан белгили пайда алыўыңыз мүмкин», — деген еди.
…Қайта сизлер жемисти жеген ўақтыңызда көзлериңиз ашылып, нениң жақсы, нениң жаман екенин айырып, Қудай сыяқлы болатуғыныңызды Ол жақсы биледи.
Басқа сөз бенен, ол ақыбети қандай болыўына қарамастан, олар сизлер өз еркиңиз бенен ислеген ис-ҳәрекетиңиздиң ақыбетинде алатуғын сол ҳәзликке туратуғынын айтты. Ҳаўа-ене оған исенди ҳәм бизлер де исенемиз. Ақыр-ақыбет, егер бизлер гүнадан ҳеш қандай қуўаныш күтпесек, неге бизлер гүна ислер едик? Мине соның ушын «Мен» («Self») журналының, оқыўшылардың сораўына психологтың жуўаплары басып шығарылатуғын бөлиминде төмендегилер жазылған: «Шеттеги мухаббат ойыны сизлерге некедеги кеўил қалыўды бастан өткериўге жәрдем береди, айырым ўақытлары бул ҳаялларға әўметсиз некеге жуўмақ қойыўға күш… береди».
Қандай да мәнисте шайтан гүналардың нәтийжелериниң «жақсы»лығына тийисли ҳақ. Еврейлерге жазылған хатта (11:25), гүнаның ҳақыйқатлықтан да азғана ўақытқа рәҳәтлениў алып келетуғыны жазылған. Бирақ, нәтийжеде гүна бузыўшы ҳәрекетте болады ҳәм
Мениң бир достым өзиниң шыжланында гүнаның ақыбетлериниң дизимин сақлайды:
• Гүна қуўанышты урлайды (Забур 50:14 — қа қараң).
• Гүна исенимлиликтен айырады (Юхан 1-х 3:19-21 — қа қараң).
• Гүна айып сезимин шақырады (Забур 50:5 — қа қараң).
• Гүна шайтанға бийлик береди (Коринф 2-х 2:9-11 — қа қараң).
• Гүна Мухаддес Руўхты өширеди (Салоника 1-х 5:19 — қа қараң).
• Гүна физикалық зыян келтиреди (Забур 37:2-12; 30:11 — қа қараң).
• Гүна руўхый аўырыў алып келеди (Забур 31:3-4 — қа қараң).
• Гүна Мухаддес Руўхты қорлайды (Ефес 4:30 — қа қараң).
• Гүна басқа гүналарға қапы ашады (Ийшая 30:1 — қа қараң).
• Гүна Қудай менен қатнасты бузады (Ийшая 59:1-2 — қа қараң).
• Гүна қорқынышты алып келеди (Нақ-мақ 28:1 — қа қараң).
• Гүна мени өзиниң қулына айналдырады (Юхан 8:34; Рим 6:16 — қа қараң).
Мениң достымда Қудайға бойсынбаўда азғырылыў пайда болса, ол бул дизимди шығарады ҳәм оны оқыйды. Ол өзине: «Ҳақыйқаттан да мен усындай нырқ төлеўди қәлеймен бе? Мен өзиме усыны рухсат ете аламан ба?», — деген сораў береди.
Айырым ўақытлары бизлердиң гүналарымыздың ақыбети тек айлар ямаса жыллар өткенде көринеди, айырым ўақытлары олар тек келеси әўладта көринеди. Базы бир нәтийжелер бизлер Қудайдың алдында ҳүким күнинде болыўымыздан алдын көринеди. Мине не ушын бизлер гүнаның ақыбетинен қаштық деп бундай қасарысып исенемиз. Ўазшыда жазылғанындай: «Жаман ислер үстинен жақында ҳүким етилмейди, буннан адамлардың балалары жаўызлық ислеўге жүреклеринде қорқпайды» (Ўазшы 8:11).
Қудай бийкарға жазаны кешиктирип атырған жоқ. Буның себеплериниң бири-адамларға тәўбе қылыўға ўақыт бериўди қәлегени: «… Ийемиз …ҳеш кимниң набыт болыўын қәлемей, ҳәр бир адам тәўбе етсин деп, сизлер ушын сабырлылық пенен күтип турыпты» (Петрдиң 2-х 3:9). Солай болса да, өш алыў күни бәри бир келеди ҳәм ол келгенинде, Қудайдың ҳәр бир баласы өтмиште бәрҳа бойсыныў жолын таңламағаны ушын пушайман болады.
Гүна менен ойнаў ҳәм оның рәҳәтлеринен қанаатланыў жыллары өткеннен кейин, Сулайман патша ақырында (ҳәм жүдә кеш) мынадай шешимге келеди:
… гүнакәр жүз мәрте жаўызлық ислесе де ҳәм онда қатып қалса, онда мен, Қудайдың көз алдында ҳүрметленген Қудайдан қорқатуғынларға жақсылық болатуғынын билемен… <…> Ҳәммесиниң тийкарын еситемиз: Қудайдан қорқ ҳәм Оның буйрықларын орынла… себеби барлық ислерди ҳәм жақсы болсын ямаса жаман болсын барлық сырды Қудай ҳүкимге алып келеди.
Бул өтирик ҳәм бизлер кейинги бапта қарап өтетуғын өтирик те («Қудай мениң қылмысымды кешире алмайды»), — бир тараўдың еки тәрепи. Егер шайтан бизлерди бириншисине исениўге мәжбүр ете алмаса, ол бизлерди екиншисине исендириўге ҳәрекет етеди. Екеўи де теңдей дәрежеде өтирик ҳәм бул еки өтирик те еркинсизликке алып барады.
Арамызда жақсы шаңарақта өскен ямаса көп жыллар ибадатханаға барған ҳәм «өзин жақсы тутыўға» үйренгенлер, басқаларға қарағанда бул өтирикке көбирек дуўшар болады. Бизлердиң басымызға ҳеш ўақытта бузықшылық пенен шуғылланыў, аборт ислетиў ямаса жынысый қатнасықтың бағдарын өзгертиў ойы келмейди. Бизлер ҳеш ўақытта әдепсиз сөйлемеймиз, жумыс бериўшиниң ақшасын саўмаймыз ямаса күйеўимиз бенен ажыраспаймыз.
«Қәўипли» гүналарды ислейтуғын басқа адамлардың айналасында бизлер өзлеримизге анағурлым жақсырақ көринемиз. Бизлердиң ўақтымызды босқа өткериў, өзимизди қорғаў, басқалардың сырын айтыў, көп жеў ямаса бир неше спиртли ишимликтен пайдаланыў, өткир тил, адамларға жаман қатнас, ақшаны шексиз жоқ қылыў, қәўетерлениў, өзин ойлаў ямаса наразылық сыяқлы гүналар бизлерге оншелли қәўипли көринбейди. Бизлер оларды бәрҳа гүна деп те есапламаймыз ҳәм бул бизлердиң ҳәлсизлигимиз, әдетлеримиз ямаса минезимиз деп ойлаўды тәўир көремиз.
Ҳаўа-ене де дәл усындай етип өзиниң гүнасын қарап шығыўы мүмкин еди. Ақыр-ақыбет ол күйеўин таслап кетпеди, Қудайды ғарғамады ҳәм Оның бар екенине қарсы болмады. Егер ойланып қарасақ, ол тек ғана Қудайдың оған жеўге рухсат етпеген мийўесинен азғана жеди. Бул жерде машқала неде? Машқала Қудайдың: «Жеме» — деп айтқаны еди, бирақ Ҳаўа-ене: «Ал, мен жеймен», — деп жуўап берди.
Ҳаўа-ене тек Қудайдың қадаған еткенин жеген еди ҳәм бул қылмыс өзинен кейин қорқынышлы ақыбетлерге алып келди: бул оның денесине, ақылына, еркине, сезимлерине, оның Қудай менен қатнасына ҳәм шаңарағына тәсир етти. Сол «кишкене» гүна оның күйеўин де азғыртты, нәтийжеде пүткил адамзат гүнаның түпкирине шүмди. Ҳәўизге тас ылақтырылғанда суўдың бетинде көп ўақытқа шекем шеңбер пайда етип туратуғынындай, гүна да ҳәзирге дейин өзи ҳаққында билдирип киятыр.
Егер бизлер ҳәр бир гүнаның қәўипли, ҳәр бир гүна-бул көтерилис ҳәм қыянет екенин көргенимизде еди! Ҳәр сапары, өзимиз қәлегенимиздей ислеўди шешкенде, бизлер Қудайға ҳәм жер жүзиниң Патшасына қарсы шығамыз.
Джон Беньянның айтқанындай, «бир ағымнан пүткил кеме шөгеди ҳәм бир гүна гүнакарды толығы менен жоқ қылады».
Ямаса Беньянның заманласы Джереми Тэйлордың айтқанындай, «қол саатының механизминде әҳмийетсиз бүртиги болмағаны сыяқлы, әҳмийетсиз гүналар да жоқ».
Мен ақ дийўаллы жайда жасайман, олар жылдың көбирек бөлегинде ақ болып көринеди. Бирақ, қар жаўғанда мениң жайым тосаттан патас-сары реңге айланады. Бизлер басқа гүнакәрлар менен салыстырғанда «таза» көринсек те, бизлер Қудайдың минсиз мухаддеслигине теңлесе алмаймыз.
Гүна ҳаққында ҳақыйқатлық Қудайдың минезиниң нурында анық болады. Бизлер Оның ең таза мухаддеслигиниң нурына қарағанымызда, жеке гүнамыздың жеркенишли екенин өткир қабыллап баслаймыз.
XVII ҳәм XVIII әсирдеги пуританлылар өзлериниң мухаддеслик ҳәм бойсыныўшылықтың тәрепдарлары болғаны менен белгили. Олардан ҳүким етиўге ылайықлы бир нәрсе табыў қыйын еди. Көпшилик адамлар, пуританлылардың уллы гүнакәрлар болмағанын биледи. Бирақ, олардың китаплары,
Мен жаман көриўим, жек көриўим ҳәм қашыўым ушын… маған гүнаның көриксиз әпшерин аш. Гүнаның ипласлығы сол гүнаның тәбиятында емес, ал Соған қарсы исленген Жеккеликтиң уллылығында екенлигин умытыўға ҳеш қашан жол қойма.
Мен кеширим темасын көтергенде ҳәр сапары ким болса да, әлбетте, маған былай айтады: «Мен өзимди ислеген қылмыс ушын кешире алмай-ақ қойдым». Мухаддес Китапта да өзимизди кешириўимиз кереклиги ҳаққында ҳеш нәрсе айтылмаған. Бирақ, мениңше көпшилик ҳаяллар ислеген қылмыс ушын өзлерин кеширилгендей
Олар Қудайдың оларды кеширетуғынын
Гәп мынада, айып ямаса Мухаддес Қудайға қарсы исленген жалғыз бир ғана гүнадан қутылыў ушын өмир бойы ислеген «жақсы ислер» жетерли емес. Ҳәттеки, химиялық тазалаў да жоқ ете алмаған дақ сыяқлы, гүнаның дағын да ҳеш қандай адам күши менен жуўыў мүмкин емес. Исленген гүнаның айыбын «еритиў» ушын тек бир усыл бар:
Айыпты не жуўа алады? — О, тек Ийсаның қаны,
Және не шыпалай алады? — О, тек Ийсаның қаны.
Руўхты гүнадан жуўа ма? — О, тек Ийсаның қаны.
Мениң жақсы мийнетим бе? — О, тек Ийсаның қаны.
Еки қарама — қарсы тастыйықлаўлар бар: «Мениң гүнам онша қәўипли емес» ҳәм «Қудай мениң қылмысымды кешире алмайды». Булардың қайсысы дурыс? — Ҳақыйқатлық тек Голгофада ашылады. Забур 84-та бизлер Ийемиз Ийса бизлер ушын ислеген нәрсениң әжайып көринисин табамыз: «Мийрим ҳәм ҳақыйқатлық ушырасады. Ҳақыйқатлық ҳәм дүнья қушақласып сүйиседи».
Голгофада Қудайдың гүнакәрларға мийрими ҳәм сүйиспеншилиги менен Оның гүнаға деген мухаддес жек көриўшилик ҳақыйқатлығы ушырасады. Голгофада Қудай Ийсаға пүткил дүньяның гүналарының жазасын жүкледи. Соның менен бир ўақытта Ол Өзинен алыслаған гүнакәрларға тынышлық ҳәм келисимди усынды. Атанақ бизлерге Қудайдың гүна ҳаққында не ойлайтуғынын анық көрсетеди-бизлер сондай жеңил қарайтуғын, «ҳәлсизликлеримизден» азат етиў ушын Ол үлкен қун төледи. Атанақ — ең соңғы гүнакәрларға Қудайдың сүйиспеншилиги ҳәм мийрими көрсетилген белги.
Уильям Купер Англиядағы XIX-әсирдиң жақсы жазыўшыларының бири болды. Бирақ жаслығында ол өзиниң жүрегинде айыптың ҳәм үмитсизликтиң аўыр жүгин қапаланыўды алып жүрди. Оның нерви бузылып, өзин-өзи өлтириўге ҳәрекет етти ҳәм бир ярым жылға жиллиханаға түсти. Емлеўханада болған ўақтында ол Мухаддес Жазыўдан өмирин өзгерткен аятты оқыды. Ол Ийса Масихтың — «Масихқа деген исеним менен Оның қаны арқалы гүналары кеширилсин деп… Қудай сабырлылық етип, бурыннан бери исленген гүналарынан кеширди…» (Рим 3:25-26) екенин көрди.
Купер бул ҳақыйқатлықты көргенде ҳәм оны қабыллағанда, ол Масихқа исенди ҳәм оған гүналарынан кеширилиў сыйланды. Көп жыллар өткеннен кейин ол өкинген гүнакәрларға мине еки жүз жылдан көбирек үмит берген кәраматлы кеширилиўди гимнде сүўретлейди. Солай болса да сиз, бәлким, бул гимнди көп рет айтқан шығарсыз, ҳәзир тоқтаң ҳәм бул сөзлерди және айтың, әсте, оларды алдын ҳеш қашан еситпегендей ҳәм Қудайдың жуўыўшы мийрими ҳәм сүйиспеншилигинде тынышлық ҳәм қуўаныш табасыз:
Гүналарды жуўыўда мухаддес Қан өзектей ағады,
Онда азапланған тынышлық ҳәм мийнетине дем алыў табады.
Атанақтағы қарақшы сол кәраматлы әжайып гилтти тапты,
Онда жуўылған ҳәм ол өзиниң жанында тынышлыққа еристи.
Қудайдан мен алыс едим, жердеги жолда адастым,
Бирақ Ол мени Өзине қаратты ҳәм мен Оның қолындаман.
Егер ҳәлсизлигимде мен және Ийсаны қапаландырсам,
Мен мухаддес Қанның айыбымды өширетуғынын билемен.
Анна Расселдиң ҳәзилли «руўхый аўырыўлар ушын халық қосығы», бизлер жеке қылмысларымыз ушын басқаларды айыплаўды жақсы көретуғынымыздың әжайып көргизбеси болып табылады:
Үш ямаса төрт жыл мен инилеримди жақсы көрмедим,
Соның ушын, әлбетте, мен оларды дәрриў уўладым.
Бирақ мен бахытлыман ҳәм мен сабақтың мынадай екенин түсиндим:
Мен не ислесем де, бәрҳа басқалар айыплы.
Егер бизлер Едемге қайтсақ, онда ол жерде азғырылыўдың ески түрлериниң бири пайда болғанын көремиз.
Адам-ата ҳәм Ҳаўа-ене қадаған етилген жемисти жегенинен кейин, Қудай оларды ислегени ушын жуўапкершиликке шақырды (Мухаддес Жазыўда бул тема бәрҳа қайталанады — бизлер ҳәр бир исимиз ушын Қудайға есап беремиз). Қудай сол ўақытта оларды бир пүтин деп қарамағанын есиңизде тутың. Ол: «Сизлер не ислеп қойдыңыз?», — деп сорамады. Ол және де Адам-атадан ҳәм Ҳаўа-енеден бир-бириниң ҳәрекетин түсиндириўди сорамады. Ол Адам-атадан: «Ҳаўаене не иследи?» — деп сорамады ҳәм Ҳаўа-енеден: «Сениң күйеўиң не иследи?» — деп сорамады. Ол алдын Адам-атаға, ал кейин Ҳаўа-енеге жолықты ҳәм ҳәр биринен жеке: «
Қудайдың Адам-атаға сораўы дәл ҳәм анық болды: «…сен Мен қадаған еткен теректен жемедиң бе?» (Жарат 3:11). Ҳаўа-енеден Қудай: «…
Ўақыяның қалай бурылғанына қарап, Адам-ата ҳәм Ҳаўа-ене өзлериниң қылмыслары ушын өзлери жуўапкершиликти алыўының орнына бир-бирин айыплай баслады. «Сен теректен жемедиң бе?» — деп сорады Қудай Адам-атадан. Мине оның жуўабы: «…Сениң маған берген ҳаялың маған теректен берди ҳәм мен жедим» (Жарат 3:12).
«Ҳаўа-ене сен не иследиң?» Жуўап: «Жылан мени азғырды ҳәм мен жедим».
Еки жағдайда да олардың жуўаплары туўры еди. Ҳақыйқаттан, Ҳаўа-ене Адам-атаға Қудай тәрепинен берилген еди ҳәм ол күйеўине теректиң жемисин жеўди усынды. Жылан ҳақыйқаттан да Ҳаўа-енени азғырды. Бирақ, басқаларға айыпты қойып, Адам-ата ҳәм Ҳаўа-ене өзлериниң бул гүна ушын жуўапкершилигиниң дәрежесин азайтыўға ҳәрекет етти.
Қудай олардан ким гүна ислеўге қоздырғанын сораған жоқ,-Ол олардың өзлериниң қылмыслары ушын жуўапкершиликти өзине алыўын қәледи. Ҳеш кимниң тәсирине қарамастан бул бәри бир олардың таңлаўы болды.
Адам-ата ҳәм Ҳаўа-ене бириншилерден болды, бирақ «айыплаўшылардың» узын қатарында ҳеш соңғысы емес еди.
Едемде басланған «ойын», — бул бизлердиң сизлер менен ойынымыз. Бизлер тәбиятымыздан оны тәжирийбели ойнаймыз ҳәм буны кейинги гүўалықлар тастыйықлайды:
Бизлер ғәзепленгенимизде депрессияда, қайғы, ашыў, шыдамсызлық ямаса қорқынышта болғанымызда, бизлердиң тәбийий реакциямыз — бул ушын жуўапкершиликтиң бөлегин болса да басқаларға ямаса бизлерди «сондай қылған» шараятқа төңкериў.
Мен, жүзлеген ҳаяллардан бузылған шаңарақлар ҳаққында гүрриңлерин еситтим. Олар бәрҳа бурынғы ерлериниң берген жәбирлери ҳаққында айтып ҳәм бул олардың некесиниң бузылыўына себепши болды деп есапланатуғын еди. Мен ҳәзир: «Мен некемниң бузылыўына өзимниң үлесимди қостым, себеби күйеўиме надурыс қатнаста болып, асығыс шешимлерди қабылладым» ямаса «мен күйеўим менен ажырасқанымда надурыс қылдым» деп айтатуғын бир ҳаялды да еслей алмайман.
Сансыз ҳаяллар маған, оларды қарызға көмилиўге «мәжбүрлеген», аўқаттан жубаныш излеген, әдепсиз қылықлар ислеген ямаса өзлериниң ата-анасынан узақласқан жағдайлар ҳаққында айтатуғын еди. Оның өмириндеги машқаланың себебине айланған ҳәм өзи қабыл еткен шешим ушын жуўапкершиликти өзине ким болса да сийрек жағдайда алады.
Бир конференцияның ўақтында орта жастағы ҳаял сахнаға шығып, өзиниң гуўалығын бөлискен сол күнди ҳеш ўақытта умытпайман. Ол өзин таныстырды ҳәм жигирма еки жылдан бери психолог болып ислеп атырғанын айтты. Оның кейинги сөзлери жүрекке терең бататуғындай айқын болды. Үзилис даўысы менен ол: «Мен усы ўақытқа шекем сизлерди алдағаным ҳәм туўры жолдан шыққаным ушын Сеннен кеширим сорайман, мениң Қудайым ҳәм сизлерден, мениң сиңлилерим. Мен тек сизлер өзлериңиздиң қылмысларыңызға жуўап бересиз деп сизлерге айтқан жоқпан. Мени кешириң!», — деп айтты.
Душпан бизлерге, егер бизлер өзимиздиң жеке таңлаўымызға барлық жуўапкершиликти алсақ, онда үлкен айып сезиминен қыйналатуғынымызды айтады.
Өзимиздиң таңлаўымызға ҳәм әтираптағыларға қатнасымызға толық жуўапкершиликти тек өзимизге қабыллап, бизлер толығы менен айып сезиминен азат бола аламыз. Бир жазыўшы айтқанындай,
Гүна-бул бизлердиң қыйын жағдайымызда жақсы жаңалық.
Себеби егер бул гүна болса, онда бәрҳа илажы бар. Тәўбе етиў мүмкиншилиги бар. Сизлер тәрбияның жетиспегенлигинде ямаса ата-анаңыз келтирген эмоционаллы жара болса тәўбе ете алмайсыз-буннан сиз қутыла алмайсыз. Бирақ сизлер гүналарыңызға тәўбе етиўиңиз мүмкин. Гүна ҳәм тәўбе етиў — қуўаныш ҳәм үмит ушын жалғыз нызамлы тийкар.
Бәлким, қәлеген масихый өз тәжирийбесинен Хазер атлы ҳаялдың басынан өткергенин билетуғын шығар:
Бул сөзлер маған елши Павелдиң ишки даўысын еслетеди:
Солай етип, мен өзимде мынадай нызамның бар екенин билдим: мен жақсы нәрсени ислеўди қәлегенимде, ишимдеги жаманлық ҳәрекет етиўге таяр турады. Мен руўхым менен Қудайдың Нызамын қуўанышлы түрде мақуллайман. Бирақ, денемниң мүшелеринде басқа бир нызамды байқайман. Ол мениң сана-сезимимниң нызамына қарсы урысып, мени денемниң мүшелериндеги гүна нызамына тутқын етеди. Ўах, сорлы басым! Өлимге жетелеўши бул денеден мени ким қутқарады?
Бизлер сорап шыққан ҳаяллардың ярымынан көбиси, бәрҳа гүнаны жеңе алмайман деген өтирикке исенетуғынын мойынлады. Исениўшилерди азатлықтан айырыў ушын шайтанның қолланған бул өтириги анық болып атыр.
Бизлер Римлилерге жазылған хаттан үзиндиде көргенимиздей, Қудайдың қәлеген баласы таза тәбиятқа — Қудайға бойсыныўды қәлейтуғын тәбиятқа ийе. Ҳәр бир ҳақыйқый исениўши ишинде терең Қудайға унайтуғындай жасаўды қәлейди (Бундай қәлеўи жоқ адам, өзиниң бағышланыўының негизин гүман астына қойыўы керек).
Бирақ Мухаддес Жазыў бойынша, бизлер аспаннан туўылғанымыздан кейин бизлердиң «денемиз» (бизлердиң тәбийий әдетлеримиз) бизлерде жасап атырған Мухаддес Руўхқа қарсы урыс жүргизиўди даўам етеди.
Руўх айтады: Кешир.
Дене айтады: Кеширме.
Руўх айтады: Сабырлы бол.
Дене айтады: Нени қашан қәлесең, сонны же.
Руўх айтады: Бул ақшаларды мүтәж болғанларға бер.
Дене айтады: Бул ақшаларды өзиңе жумса.
Руўх айтады: Бул ўақытты Сөзде ҳәм дуўада өткер.
Дене айтады: Сениң күниң аўыр болды, ҳәзир көк экран алдында дем ал.
Руўх айтады: Тилиңди тый. Сениң айтажағың жаўызлық ямаса керек емес сөз.
Дене айтады: Ҳәммесин барынша айт!
Бизлер денениң пайдасына шешим қылған ҳәм Мухаддес Руўхқа жол бермейтуғын ҳәр сапары бизлер гүнаға өзимиздиң үстимизде ҳүким етиўине жол беремиз. Басқа тәрептен, ҳәр сапары Руўхқа «аўа» деп айтып, бизлер Оған өзимиздиң өмиримиздиң үстинен көбирек бийлик беремиз.
Қудайға емес, ал гүнаға бәрҳа бойсынып, бизлер өзимизде сындырыў қыйын болған әдетлерди сиңдиремиз, бизлер гүнаның қуллығын таңлаймыз. Айырым ўақытлары бизлер дурыс ислеўге ҳәрекет етемиз, жеңилиске ушыраймыз, ҳәрекет етемиз-ҳәм және жеңилиске ушыраймыз. Сол ўақытта шайтан бизлерди ҳеш нәрсени өзгертиўге болмайтуғынына, бизлер бәрҳа бул гүналы әдеттиң қулы болатуғынымызға исендиреди. Бизлер: «Буннан не пайда? Мен бәри бир жеңилемен. Бул гүресте мен бәрҳа жеңилемен» — деп ойлаймыз. Бизлер көнемиз. Не жүз берди? Шайтан утты, бизлерге бәрҳа азғырылыў ҳәм гүнаны жеңип жасай алмайтуғынымызға исениўге мәжбүрлейди. Кристина ҳәм Шерилдиң машқаласы түрли болса да, бирақ тийкарында олар менен бирдей болған:
Есиңизде болсын: бизлердиң ойларымыз өзимиздиң өмир жолымызды белгилейди. Егер бизлер бәри бир гүна ислейтуғынымызға
Шерил бир әҳмийетли ескертиў иследи. Ол өзгере алмайтуғынына исенетуғын еди. Бул қандай таң қаларлы болмасын, бирақ бул ҳақыйқатлықты түсиниў — гүнаның үстинен жеңиске биринши адым.
Сизлер де, мен де өзимизди өзгертетуғын жағдайда емеспиз, себеби Ийса: «… Менсиз ҳеш нәрсе ислей алмайсыз», — деп айтты (Юхан 15:5).
Демек, бизлер не ислейик? Гүнадан қалай азат боламыз? Бизлерди тек ҳақыйқатлық азат ете алады.
Масихтың қурбанлығының арқасында бизлер гүнаны жеңе аламыз. Шайтан енди бизлерге хожайын емес ҳәм бизлер енди оның қулы болмаўымыз керек. Егер сизлер Масихта болсаңыз, онда ҳақыйқатлық мынада…
…гүнаның бийлигинен азат болып, ҳақлықтың қуллары болдыңлар. <…> Себеби Масих Ийса арқалы өмир беретуғын Мухаддес Руўхтың нызамы менен гүнаның ҳәм өлимниң нызамынан азат қылды.
Бизлер көргенимиздей, шайтан Ҳаўа-енеге, егер ол қадаған етилген жемисти жесе, оның көзлери ашылатуғынына, оның Қудай сыяқлы болатуғынына ҳәм жақсы ҳәм жаманды билетуғынына ўәде етти.
Ҳақыйқатында сол ўақытта…
• Ол руўхый соқыр болды ҳәм ҳақыйқатты басқа көре алмады.
• Ол Қудайға уқсатылып жаратылған болса да, бул образ енди бузылды ҳәм ол Қудайға қарама-қарсы нурға салған сая сыяқлы гүналы тәбиятты қабыллады.
• Ол ҳақыйқатлықтан жаўызлықты билиўди қабыллады (буны Қудай қәлемеген еди), бирақ Қудай менен қатнас бузылды ҳәм ол енди әдил болып қала алмады.
Соннан бери қәлеген адам дүньяға усындай: руўхый соқыр гүнакәр, Қудайдан узақластырылған ҳәм Оған унай алмайтуғын жағдайда келеди. Гүналарымыз себепли бизлердиң бәримиз Қудайдың әдил ҳүкими астындамыз.
Хош Хабар-Инжил-Ийсаның бул жерге келип, олардың қыйратыўшы ақыбетин өзгертиўге имкан болыўы ушын Өзине Ҳаўа-ене ҳәм бизлердиң гүналарымыздың жазасын алыўынан турады. Оның гүнасыз өмири, Голгофадағы өлими ҳәм жеңис келтирген тирилиўи арқалы бизлер барлық гүналарымызға толық кеширим алыўымыз, үстинен күлген Қудай менен жарасыўымыз ҳәм мухаддес өмир менен жасаўға күшке ийе болыўымыз мүмкин.
Бизлер бул кеширимди ҳәм Мухаддес Руўхтың алдында ақланыўды, масихый шаңарақта туўылғанымыз ушын ҳәм ибадатханаға барғанымыздың арқасында қабылламаймыз. Негизи бизлердиң шомылдырылыўды қабыллағанымыз, конфирмациядан өткенимиз, жақсы ислер ислегенимиз, бизлерди тәўбеге шақырғанда алдыға шыққанымыз, күшли диний кеширмелерге ийе болғанымыз, қандай да дуўаны ядтан билгенимиз ямаса ибадатхананың өмиринде жедел қатнаста болғанымызда емес. Бизлер гүналарымыздан жақсы ислеримиз арқалы қутқарыла алмаймыз. Мәңгилик қутқарылыў алыўдың жалғыз мүмкиншилиги — Ийсаның атанақта ислегенине исениў.
Мен көбинесе өзлерин қутқарылғанына гүманланып қыйналатуғын ҳаяллардан хат аламан. Олардың айырымлары «дурыс жуўапты» биледи, бирақ ҳәзирге шекем қандай да бир гүнадан қыйналады. Көпшилик жағдайлар олардың гүналары ушын ҳақыйқатлықтан да тәўбе етпегенинде ҳәм Ийсаға үмитин тапсырмағанында, оларды тек Оның бир Өзи қутқара алатуғынына исенбегенинде деп ойлайман. Олар, бәлким, диний адамлар, бирақ Қудайдың алдында солай болса да ақланыў алмады.
Ал сиз, мениң достым? Душпан сизлерди қорқыныштың, гүман ҳәм айыптың қуллығында услаўды қәлейди. Қудай сизлердиң азатлықта, исенимде ҳәм кеширилгениңизге исенимли жасаўыңызды қәлейди. Сизиң «жақсы адам» болғаныңыздан ғәрезсиз, Қудайдың алдында әдилликке жалғыз жол — бул Ийса Масихқа исеним. Сизиң қаншелли гүнакәр адам болыўыңыздан ғәрезсиз, Оның жарылқаўы сизлер ушын жетерли. Масихтың өлими-мине гүналардың машқаласының мүмкин болған жалғыз шешими.
Егер сизлер ҳеш қашан усындай көринисте өзлериңиздиң гүна машқалаңызды шешпеген болсаңыз, егер сизлер Қудайдың баласы екениңизди билмесеңиз, онда мен сизлерди ҳәзир тоқтап ҳәм кейинги бапқа өтпестен алдын Қудай менен өзиңиздиң қатнасыңызды тиклеўге шақыраман. Душпанға өзиңизди соқыр етиўине ямаса тутқында услаўына жол қоймаң. Буннан сизиң мәңгиликтеги тәғдириңиз ғәрезли.
Қудайдың алдында өзиңиздиң Оның нызамына қарсы гүна ислегениңизди ҳәм өзиңизди қутқара алмайтуғыныңызды мойынлаң. Оған Ийсаны сизлердиң гүналарыңыздың жазасын қабыллаўға жибергенине миннетдаршылық билдириң. Масих сизлерди қутқарып атырғанына исениң ҳәм сыйға өмирди қабыллаң. Қудайға өзиңиздиң гүналарыңыздан бас тартатуғыныңызды, тек Масихқа бойсынатуғыныңызды ҳәм Оған өмириңиздиң Хожайыни болыўға жол қоятуғыныңызды айтың. Кейин Оны гүналарыңызды кеширгени ушын миннетдаршылық билдириң; Оны сизде жасаўға келген Мухаддес Руўхтың сыйы ҳәм егер Оған бойсынсаңыз, гүнаны жеңиўге күш беретуғыны ушын миннетдаршылық билдириң.
Сиз жақында исенимге келдиңиз бе ямаса Қудайды бир неше ўақыттан бери билсеңиз, келиң ески пуританлы дуўа менен дуўа етейик. Келиң, Қудай бизлерди тапқан ҳәм Оның бизлерге не ислегенин еслейик:
Маған ҳеш қашан умытпаўға жәрдем бер
Таң қаларлы гүнаның жарамсызлығын,
Таң қаларлы ҳақыйқый қутқарылыўды,
Таң қаларлы Масихтың уллылығын,
Таң қаларлы мухаддесликтиң сулыўлығын,
Таң қаларлы кәраматлы жарылқаўды.
ӨТИРИК
13. МЕН ГҮНА ИСЛЕЙ АЛАМАН ҲӘМ БУЛ УШЫН МАҒАН ҲЕШ НӘРСЕ БОЛМАЙДЫ
ҲАҚЫЙҚАТ
• Бүгин ислеген таңлаўым, белгили нәтийжеге ийе болады. Мен не ексем, соны ораман.
• Гүнаның ҳәзлиги тек аз ўақытқа созылады.
• Егер мен от пенен ойнасам, онда күйемен. Гүнамның ақыбетинен қаша алмайман.
ӨТИРИК
14. МЕНИҢ ГҮНАМ ҲАҚЫЙҢАТТАН ДА ОНША ҚӘЎИПЛИ ЕМЕС
ҲАҚЫЙҚАТ
• Ҳәр бир гүна-бул Қудайға қарсы көтерилис.
• Кишкене ҳәм аўыр гүналар болмайды.
ӨТИРИК
15. ҚУДАЙ МЕНИҢ ҚЫЛМЫСЛАРЫМДЫ КЕШИРЕ АЛМАЙДЫ
ҲАҚЫЙҚАТ
• Мениң ислеген гүналарымды жабыў ушын Ийсаның қаны жетерли.
• Қудай кешире алмайтуғындай гүна жоқ.
• Дүньядағы ең үлкен гүнадан, Қудайдың жарылқаўы көбирек.
ӨТИРИК
16. МЕН ӨЗИМНИҢ ҚЫЛМЫСЛАРЫМ ҲӘМ РЕАКЦИЯМА ТОЛЫҚ ЖУЎАП БЕРМЕЙМЕН
ҲАҚЫЙҚАТ
• Қудай меннен, басқа адамлардың гүналарын сорамайды.
• Мен таңлаўым ушын жуўап беремен.
ӨТИРИК
17. МЕН ГҮНАНЫ БӘРҲА ЖЕҢЕ АЛМАЙМАН
ҲАҚЫЙҚАТ
• Егер мен Қудайдың баласы болсам, онда гүна ислемеўим мүмкин.
• Мен гүнаның қулы емеспен. Масихта мен гүнадан азат болдым.
• Қудайдың мийрими ҳәм Масихтың атанақтағы иси арқалы мен гүнаны жеңе аламан.
1. Қудай менен КЕЛИСИҢ.
Өзиңиз ҳаққында қандай өтирикке исендиңиз?
2. Жуўапкершиликти өзиңизге АЛЫҢ.
Бул өтирикке исениў сизиң жасаў образыңызға қалай тәсир етти (сизиң қатнасыңыз ҳәм ҳәрекетиңиз)?
3. Ҳақыйқатты ЖӘРИЯЛАҢ.
Төменде келтирилген ҳақыйқатлықтың ҳәр бирин даўыслап оқың. Усылардың қайсысы ҳәзир сиз ушын айрықша әҳмийетли?
Өзиңиздиң ақылыңызды Қудайдың Сөзи менен жаңартың. Даўыслап келеси үзиндилерди оқың. Бул аятлар гүнаның тәбияты, оның бизлердиң өмиримизге тәсири ҳәм гүна машқаласына Қудайдың шешими ҳаққында не айтады?
Забур 31:1-5
Яқып 1:13-15
Юханның 1-хаты 1:5-9
Рим 6:11-14
4. Ҳақыйқат тийкарында ҲӘРЕКЕТ ЕТИҢ.
Өмириңиз ҳақыйқатлыққа туўра келиўи ушын қандай адым атыўыңыз керек?
5. Ҳақыйқатта жүриўиңиз ушын Қудайдан жәрдем СОРАҢ.
БЕСИНШИ БАП
ҲАЯЛЛАР ИСЕНЕТУҒЫН ӨТИРИК…
…БИРИНШИЛИКЛЕР ҲАҚҚЫНДА
Бизлер мениң көз-қарасым бойынша азғырылыўдың үш фундаментли бөлегин көрип шықтық: бизлердиң Қудай, өзимиз ҳәм гүна ҳаққында көз-қарасымыз. Олар бизлердиң қалған исенимимизди белгилейди. Егер биз бул тараўда алданған болсақ, онда басқаларында алданыў мүмкиншилиги қатты өседи.
Кейинги бапларды бизлер көплеген масихый-ҳаяллардың өтирик көриниске ийе бир неше тәжирийбели аспектлерди көрип шығамыз. Бизлер өзимиздиң бириншиликлеримизден баслаймыз. Мен ҳаяллар кийимлери бутигинде бир неше жыл алдын көрген плакатта, бул өтириктиң бир неше жемиси көринеди:
Бул сөзлер Хелен Реддидиң қосығынан алынған (ол 70-жыллардың басында Грэмми премиясын алды), әлбетте, күлки келтиреди. Бирақ олар және де ҳәр бир ҳаялды қыйнайтуғын сораўға бизлерди қайтарады: қыйыншылықты қалай өтиў ҳәм ҳәр күни бизлерге өмирдиң таслаған шақырығына қалай жуўап бериў?
Маған таныс болған ҳаяллардың көпшилиги өзлерин жеңимпаз сезбейди. Керисинше, көпшилиги бәрҳа өзинде жеке толық емеслик ҳәм исенимсизлик сезимнен қыйналып атыр. Олар бәрҳа өзиниң өзлерине көпшилик жүкленген роллери ҳәм жуўапкершиликлери менен орынлаў қолынан келмейтуғынын сезеди.
Бул сезимлер және де заманагөй жәмийетте душпанның еккен түрли өтириклерине азғыртады. Мысалы…
Бизлердиң сораў бериўимиздиң жуўмағы бойынша бул өтирик ең таралған болып шықты. Ҳаяллардың жетпис проценти оған исенетуғынын айтты. Бундай нәтийжелер мени таң қалдырған жоқ.
Ақыр-ақыбет, егер бүгин қәлеген ҳаялдан: «Жумысларың қалай?» деп сорасақ, ол дем шығарып ямаса гүрсинип былай деп жуўап береди:
• Мениң ҳеш нәрсеге ўақтым жетпейди!
• Шаңарақта ойға келмейтуғын нәрселер болып атыр!
• Мен керек нәрселерди ислеўге ҳеш үлгере алмай атырман!
• Мениң шаршағанымнан ҳалым жоқ!
Көбинесе ҳаяллар (масихый-ҳаяллар да киреди) ўақытлары жетпейтуғынын, жумысларын ислейтуғындай жағдайда емеслигин сезеди. Нәтийжеде олардың көпшилиги дем алыссыз, тынышлық ҳәм қуўанышсыз тыйын сыяқлы дөңгелекте айналады.
Көп жыллар алдын мен заманагөй ҳаялдың қарамағында дерлик елиў хызметкердиң болғанын оқыдым-ўақытты үнемлеўге жәрдем беретуғын заманагөй турмыс машиналары. Бул сан туўры болмаўы мүмкин, бирақ бизлерде өткен әўладтағы ҳаяллардың қолы жетпеген қолайлықлар сөзсиз бар. Көз алдыңызға келтириң, сизлер ыдысларды жуўатуғын машина, микроволновка, фен, автомобиль ямаса адамлар электр ҳаққында ямаса үйде жайласқан монша ҳәм ҳәжетхана ҳаққында еситпеген сол бурынғы ўақытларда, яғный сол күнлерде жасап атырсыз!
Мен кишкене ўақтымда шөлкемлестириўшилер «келешектеги өмир»ди көрсетиўге ҳәрекет еткен дүнья жүзлик көргизбеде болғаным есимде. Техникалық жаңалықлар ҳәм электр үскенелери олардың дем алыўы ямаса ўақтын «әҳмийетли» нәрсеге сарп етиўи ушын үй бийкелериниң өмирин жеңиллететуғын еди. Ҳәм мине келешек келди. Мениң балалық дәўиримниң ең батыр ақылылары арман етпеген қурылмалар ҳәм үскенелер бизлерде бар. Солай екен неге бизлердиң өмиримиз алдыңғыға қарағанда астан-кестен болды? Не ушын бизлер бундай арқаланғанбыз?
Буған, бәлким, бир неше түсиндирмелер бар шығар. Бирақ себеплердиң биреўи, керекли нәрсени ислеўге бизлердиң ўақтымыз жоқ деген өтирикке исенгенимизден турады.
Бирақ бизлердиң ўақтымыз алдыңғы әсирлерде жасаған қәлеген адамлардикинен көп те, аз да емес. Ҳеш кимде де, оның жағдайы ямаса жумысынан ғәрезсиз ҳеш ўақытта суткада 24 сааттан көп, ҳәптесине 168 саат ҳәм жылына 52 ҳәпте болмаған.
Ийсаның Өзинде де қун төлеў нийетин иске асырыў ушын жерде бары жоғы бир неше жылы болды. Мине бул ҳақыйқатлықтан узын «ислердиң дизими» болды! Бирақ Ийса Өзиниң өмириниң ақырында Әкеге қарап: «Сениң Маған тапсырған
Бул мени таң қалдырады. Мен күн ақырында жобаластырғанымның ҳәммесин иследим деп сийрек айта аламан. Керисинше, мен көбинесе жүдә кеште мен қәлеген, бирақ ислей алмаған ислердиң узын дизимин ойлап кроватқа қулайман. Ийса бундай қысқа ўақытта Өзиниң өмириниң исин қалай ислей алды?
Жуўап — Ийсаның сөзинде. Бул бизлерди асығыслық ҳәм кеўил қалыўшылықтың қуллығынан азат ететуғын күшли ҳақыйқатлық. Ийса Өзиниң жердеги отыз үш жылында қандай исти тамамлағанын еске алың: «Мен Сениң Маған тапсырған исиңди орынладым». Мине Оның сыры неде. Ийса шәкиртлериниң қәлегениниң ҳәммесин орынлаған жоқ (Олардың айырымлары, Оның рим ҳүкиметин қулататуғынына үмитленди). Ол изине ерген аламан адамлардың қәлегениниң ҳәммесин орынлаған жоқ (Еле аўырыў ҳәм өлейин деп атырғанлар көп еди). Бирақ, Ол Қудайдың тапсырған исин орынлады.
Әтираптағылар менен қәлеген нәрсениң ҳәммесин ислеўге маған 24 саат та ҳеш қашан жетпейди. Өзим қәлеген нәрсени ислеўге маған ўақыт жетпейди. Мен барлық сөйлесиўди қәлеўшилер менен ушырасып ямаса қоңыраў қылып, мүтәжлерге, досларының ойы бойынша мен ислей алатуғын олардың проектлерин ислеўге жәрдем берип, барлық қызықлы китапларды оқып, досларым менен қанша қәлесем, сонша ўақыт өткериў ҳәм соның менен қәлеген ўақытта қонақлар келиўи мүмкин болғаны ушын қонақлар ханасын бәрҳа тәртипте услай аламан. Бул физикалық жақтан мүмкин емес.
Ҳақыйқатында мен тек Қудайдың тапсырғанларын орынлаўым керек.
Егер мен Қудайдың тапсырмағанына жуўапкершиликти алыўға урынсам, мениң тек кейпиятым бузылады. Мен Қудайдың меннен не қәлейтуғынын түсиниўдиң орнына өзимниң ислеримниң дизимин белгилеп ямаса басқаларға мениң бириншиликлеримди белгилеўге жол қойсам, онда ақыр-ақыбетинде тамамланбаған, жаман исленген ямаса басланбаған жумыслардың үйиминиң астында көмилип қаламыз. Мен айып сезими менен асығыслықта ҳәм депрессияда жасап атырман ҳәм Қудайдың маған усыныс етип атырған тыныш, тәртипли өмири менен рәҳәтлене алмайман.
Қудайдың мен ушын «жумыслар дизими» басқа адамға арналған дизимнен айрықша екенин еслеў жүдә әҳмийетли. Ийса: «Сен Петрге, Юханға ямаса Мениң анама тапсырған исиң» емес, ал «Сениң
Буннан тысқары, бизлердиң өмиримиз бир неше басқышқа бөлинеди. Ҳәм Қудай маған қырық жасымда жаслық ўақтыма таярлап қойған исти бермейди.
Соның менен бирге, бизиң дәўиримиздиң ҳаяллары тез берилетуғын және бир өтирик бар. Бул «мен ҳәммесин ислей аламан», «мен жақсы ҳаял ҳәм ана болыўым, тазалықты ҳәм өзимниң үйимде тәртипти сақлаўым, мазалы ҳәм пайдалы аўқат писириўим, бәрҳа балаларымның мектептеги өмири, ибадатхана ҳәм жәмийеттиң ўақыяларын билиўим керек, бәрҳа жыйнақлы, көркем ҳәм соның менен және де толық дәрежеде ислеўим керек» дегени ҳаққында өтирик.
Ҳаяллар санап өтилгенлердиң ҳәммесин ислеўи кереклиги, туўры шаршаў ҳәм кеўил қалыў батпақлығына баратуғынын билсе де билип турып исенеди.
Ҳеш бир ҳаял барлық роллерди бирден сапалы ислей алмайды. Ерте ме, кеш пе, әлбетте, не болса да (ямаса ким болса да) зыян көреди.
Кеўил қалыў-бул Қудайдың бизлерге тапсырмағанын орынлаўға ҳәрекет етиўдиң ақыбети. Ал азатлық, қуўаныш ҳәм әўмет бизлердиң өмиримиздиң усы дәўиринде Қудайдың бириншиликлерин билиўге ҳәрекет еткенимизде келеди, ал кейин оларды өмиримизде Мухаддес Руўхтың күши менен көрсетиўге ҳәрекет етемиз. Соның менне бизлер Ол шақырған нәрселердиң
Бул гүўалықлар, бириншиликлер ҳәм ўақытты бөлиўлер бизлерди қуллыққа алып келетуғын шайтанның өтириги ҳәм ҳақыйқатлықтың азат ететуғыны ҳаққында:
Бизлер ҳәзир ғана қарап өткен өтириктен айырмашылығы, бул өтирикти масихый-ҳаяллардан ким болса да даўыслап айтыўға батылы жетпейди. Бирақ сораў берилген ҳаяллардың 48% — тине шамаласы бул өтирикке исенетуғынын мойынлады. Бул бизлердиң «белгили» өтириклеримиздиң дизиминде төртинши болып турады.
Шайтан бизлерди Қудайдан ғәрезсиз жасай алатуғынымызға исендиреди. Егер душпан бизлерди Мухаддес Руўхтың күши менен емес, ал өзимиздиң күшимизге сүйенип жасаўға мәжбүр ете алса, онда оның бизлердиң Қудайға «исенетуғынымыз», бизлердиң дурыс қарасларымызды услағанымыз ҳәм бизлердиң «руўхый» ислерде ҳәм хызметлерде қатнасып атырғанымыз ҳаққында тынышсызланыўының да кереги жоқ.
Егер ол бизлердиң «масихый сыяқлы» болып жасаўымызға ҳәм соның менен бирге Ийемиз Ийса менен қатнасымыздың раўажланбаўына ерисе алса, онда бизлер руўхый ҳәлсиз боламыз ҳәм жеңилиске ушыраймыз. Егер ол бизлердиң «Қудай ушын» уллы нәрсени ислеп атырып, соның менен бирге билип турып Қудайдың еркин Оның Сөзи ҳәм дуўа арқалы билмегенимизге ериссе, бизлер диний адамлар болып көринемиз, бирақ шайтан ушын қәўипсизликте боламыз. Егер ол бизлердиң Қудайдың даналығын излемей, ал өзимиздиң ойларымыз ҳәм пикирлеримиз бенен жасаўымызға ериссе. Онда ақыр-ақыбетинде бизлерди бул дүнья жер менен жексен етеди.
Мине мен Иветта деп атаған ҳаялдың өмириндеги бул өтириктиң нәтийжелери ҳаққында маған айтып бергени:
Шайтан бизлердиң Қудайдың Сөзинен ғәрезсиз жасаўға мәжбүр ете алса, бизлердиң ҳәлсизирек болатуғынымызды биледи. Ески Келисимде алты мәрте Даўыттың «Қудайдан сорағаны» айтылады (Патшалар ҳаққында 1-китап 23:2, 4; 30:8, Патшалар ҳаққында 2-китап 2:1; 5:19, 23 — қа қараң). Ол Қудайсыз ҳеш ким екенин, ҳеш нәрсе ислей алмайтуғынын билетуғын еди. Ҳәр күни таңда, күнделикли жумысларына кетиўден алдын, ол дуўада Қудайға жүрегин қаратты:
Қудайым! ерте мениң даўысымды есит, — ерте Сениң алдыңда тураман ҳәм күтемен…
Сәҳәрдиң алдында жалбарынаман; Сениң сөзиңе исенемен.
Мен ҳәр күни Қудай менен Сөзде ҳәм дуўада бирге өткериў ўақтының қаншелли баҳалы ҳәм әҳмийетли екенин билемен. Мен бул ҳаққында китап та жаздым. Бирақ мен көбинесе «алдын Қудайдан сорамай» бул күнниң майда-шүйдеси ҳәм ғамына дыққат ажыратаман.
Усылай етип, мен (ҳеш қашан
Айырым ўақытлары Қудай маған: «Сен бүгин өзиң менен өзиң жасаўды қәлейсең бе? Алға», — деп айтып атырғандай менде сезим пайда болады. Буннан не шығады? — Ең жақсы жағдайда мен тек өзим ушын бос, жемиссиз күнди өткеремен. Жаманында-мен өзим пайда еткен астан — кестенликке түсемен.
Басқа тәрептен, «Қудай бойсынғанларға жарылқаўын береди». Мен күнди бойсынып ҳәм жалғыз өткере алатуғынымды, маған Оның кереклигин мойынласам, сол ўақытта мен Оның қудайлық жәрдемине сүйене аламан.
Ҳақыйқат, Онда «
Ярым әсир алдын азғана батыл ҳаяллар философиялық ҳәм мәдений революцияны ислеўге киристи. Ҳаяллар еркеклердиң жекке бийлеўшилик шатасларын алып таслаўы керек деп исенетуғынлар, китаплар жазды, мақалалар басып шығарды, университет ҳәм колледжлердиң муғаллимлери наразылық жүрислерин уйымластырды, Конгресс ҳәм көплеген басқа да усыллар менен миллионлаған ҳаяллардың жүреклерин ҳәм ақылын бағындырыўға еристи.
Олар өзлериниң «ҳаял» түсинигине анықламалар жазды ҳәм ҳаялдың бириншилигине ҳәм оның өмирдеги хызметине дәстүрли көз-қарасларды алып таслады.
Заманагөй әўлад басқаша ҳеш ойлай алмайды.
Ең бузыўшы мақсетлердиң бири — ҳаяллықтың «жаңа» көз-қарасы-неке ҳәм аналық мәнисиниң пәсейиў бағдары физикалық сыяқлы эмоционаллық жақтан да ҳаялларды үй ҳәм шаңарақтан завод ҳәм офислерге өткериўден ибарат. Доктор Дороти Паттерсон төмендеги бақлаўды иследи:
Ҳаяллар көп әсирлер рәҳәтленген ҳақыйқый азатлықтан-үйде болыўдан, балаларды тәрбиялаў ҳәм дәретиўшилик пенен шуғылланыўдан «азат болды». Оларды абройлы төлейтуғын жумыстың жоқлығы ҳаялды өмирде кеўли толмаўға, жалығыў ҳәм жеке үйинде қамақта болыўға алып келеди деп исениўине мәжбүрлеген.
Статистика, жумысқа кириўде жынысты көрсетиў дискриминациясында, ис ҳақы сораўын шешиўде ҳәм билим алыў мүмкиншилигинде-феминистлердиң ҳәрекетлериниң жеделлилери жетиўге узақ ҳәм тынбай ҳәрекет еткени оншелли анық көринбегенин көрсетеди. Бирақ, таза еркинликтиң «қосымша эффекти» қандай? Бизлер төмендеги ақыбетлерге дуўшар боламыз деп ким ойлады:
• Өмирлик жолдас ҳәм ана болып турып бир орында турмаўға шақыратуғын кәсиплес дослар тәрепинен күшли басымды ҳаяллар басынан өткереди.
• Үй бийкесиниң статусын енди көпшилик қорған дәрежеси менен теңлестиреди.
• Миллионлаған нәрестелер ҳәм бақша жасындағыларды таң сәҳәрде ясли ҳәм балалар бақшасына алып барады ҳәм және қараңғы түскенде ол жерден алып қайтады.
• Миллионлаған балалар мектептен үйине бос жайға қайтады ямаса күни узайтырылған топарда қалады.
• Аналар күшиниң көп бөлегин кимге болса да береди, тек өзлериниң балалары ҳәм күйеўине емес, бул олардың өтлескен шаршаўының ҳәм ғәзеплениўи себеп болады.
• Шаңарақ ағзалары жүдә сийрек бирге аўқатланады.
• Балалар тек аяқта жүрип ярым фабрикат ямаса бутербродлардан ибарат түслик пенен аўқатланады.
• Некели ҳаяллар өзлериниң күйеўлерине қарағанда, көбирек ўақтын жумыстағы еркеклер менен өткериўиниң нәтийжесинде эмоционаллық ямаса физикалық қыянеттиң қәўипин әдеўир күшейтеди.
• Ҳаяллар өзлери қәлеген ўақтында күйеўлеринен батыл кетиў мүмкиншилигин беретуғын жетерли қаржы еркинлигин алды.
• Күн сайын ҳаяллар жумыста әдепсиз сөзлер, қопаллық ҳәм жаман астарлы сөзлерди еситеди.
• Ҳаяллардың жеке балалары менен жақын қатнасының өсиўи ушын ўақты ҳәм күши жоқ ҳәм олар ақырында, әлле-қашан ер жеткен балаларына жат болып қалады.
• Балалар көп ўақтын телевизор, видео, электрон ҳәм компьютер ойынларының алдында өткереди.
• Үлкенлер жеткиликсиз дыққат аўдарған балалар порно сүўретлер, алкогол, наркотик, жынысый қатнас ҳәм зорлыққа дусласады.
• Қызлары ҳәм келинлери толық ставкада жумыс ислегени ҳәм оларды керекли дыққат пенен тәмийинлей алмағаны ушын қартайған ата-аналар қариялар үйине түседи.
Масихый бириншиликлерди белгилеп, бизлер биринши орында өзимизден: Қудай не ушын ҳаялларды жаратты? Оның мақсети қандай? — деп сораўымыз керек. Қәлеген әўладтың ҳәм миллеттиң ҳаяллары Қудайдың Сөзи оның жаратылыў мақсети, оның тийкарғы миннети ҳәм хызмети ҳаққында ҳақыйқатлықты ашады. Бизлер бул ҳақыйқатлықтың бетине қарағанымызда оның әтирапына өзимиздиң бириншиликлеримизди ҳәм кестемизди дүзсек, онда нағыз еркинликке ерисемиз.
Жараталыс Китабында (2:18) бизлер ҳаяллардың жаратылыўында биринши ҳәм ең анық мақсетти табамыз:
Ийемиз Қудай былай деди: адамның жалғыз болғаны жақсы емес; оған өзине уқсас болған жәрдемши жаратайық.
Мине усындай — Қудай ҳаялды еркекке жәрдемши қылып жаратты, ол оны толықтырыў ушын оның мүтәжин қанаатландырыў ушын жаратты. Оның өмири күйеўиниң өмириниң дөгерегинде айланыўы керек еди, ал керисинше емес. Ол Қудайдың сыйы ретинде «еркектен», еркек ушын жаратылды. Оның күйеўи менен қатнасы Қудайға хызмет етиўдеги дәслепки ҳәм ең баслы бөлеги болды. Оның күйеўи ислеўге ҳәм шаңарақты бағыўға жуўап беретуғын еди. Ал ол оның жәрдемшиси ҳәм досты болыўы, ери сыяқлы ол да Қудай образында жерди басқарыўы ҳәм жақсы әўлад жеткерип бериўи керек еди.
Олар биргеликте Қудайды сүйетуғын ҳәм Оның буйрықларын орынлаўға ҳәрекет ететуғын жаңа адамларды жерге орналастырыўы керек еди. Ҳаял сийрек гезлесетуғын болып жаратылды ҳәм Жаратыўшы тәрепинен тиришиликти алып барыў ушын физиологиялық, эмоционаллық, ақыл ҳәм руўхый жақтан мол сыйланған. Ол оған шаңараққа сулыўлық, өмир байлығын жарылқаў ҳәм қуўаныш бериў уқыплылығын берди. Өз шаңарағының жүрегине айланған ҳаялдан әўметлиси болмаса керек.
Тимофейге жазылған биринши хатта Павел қандай жесирлерге ибадатхана жәрдем бериўи кереклигин белгилейди. Бул дизимде тийкарғы мәселениң көринисин бизлер ҳаяллардың өмириниң қәлеген дәўиринде табамыз. Павел өмири үйи ҳәм шаңарағы әтирапында айналған, өзин басқа адамлардың мүтәжлигине хызмет етиўге бағышлаған ересек жастағы ҳаялларды ҳүрметлеген. Павелдиң талаплары ҳәр бир масихый-ҳаяллардың бириншиликлери дизиминде болыўы керек:
Жесирлер… тек бир мәртебе турмысқа шыққан, жасы алпыстан кем болмаған болыўы керек. Сондай-ақ, ол жақсы ислери менен ат шығарған болып: балаларын жақсы тәрбиялаған, миймандос болған, исениўшилерге кишипейиллик пенен хызмет еткен, қыйыншылықта болғанларға жәрдем берген ҳәм ийгиликли ислерге өзин бағышлаған болыўы тийис.
Павел қашан болса да турмысқа шыққан ҳаяллар ҳаққында анық айтқан ҳәм неке көпшилик ҳаяллар ушын Қудайдың орнатыўы екенин мухаддес китаплық тәлим және бир мәрте тастыйықлайды. Бирақ Коринфлилерге жазылған биринши хатқа тийкарланып (Коринф 1-х 7:32-35 — қа қараң), турмысқа шықпаған ҳаяллар да «үй қурылысына» шақырылған, бирақ басқа мәнисте. Олар өзлерин исеним үйин қурыўға бағышлаўы, мүйештиң басына жеке қызығыўшылығы ҳәм талпынысларын қоймай, ал Масихты ҳәм Оның Патшалығын қойып қурбан болып жасаўы керек.
Мухаддес Жазыў некели ҳаялдың өмири ҳәм хызмети үйи ҳәм шаңарағы әтирапында айналыўы керек екенин анық айтады. Бул, егер тек бул жумыс оның баслы шақырығының-үйдеги хызметиниң орынланыўына қарсылық етпесе ана ҳәм ҳаял үйден тысқары ислеўи мүмкин емес дегени емес. Буннан тысқары, ҳаял өзиниң тийкарын баҳалаўы, не ушын жумыс ислеўди қәлейтуғынын ҳәм оның артында қандай да өтирик турғанын тексериўи зәрүр.
Мысалы, бүгин шаңарақ тек бир айлықта жасай алмайды деп айтылады. Ҳақыйқаттан, феминистлердиң революциясының ақыбетинде бизлердиң экономикамыз ата-ананың екеўи де ислейтуғын шаңарақлардан ғәрезли болып қалды. Бирақ, бул шаңарақлар бир айлыққа жасаў жағдайында емес дегенди билдирмейди.
Қудай еркекке шаңарағы ушын табыскер болыўды тапсырды. Душпан болса бундай жасаў шыдап болмас дәрежеде аўыр болыўы ушын ғам шекти, бирақ егер, әлбетте, бизлер ҳақыйқаттан да қәлесек ҳақыйқатлықта бәрҳа жасаўымыз мүмкин.
Мениң алты, жети, сегиз ҳәм тоғыз баласы бар ҳәм барлық ўақтын үйде балалары менен өткериўге қарар еткен жақын досларым көп. Бул жеңил емес, оларда бүгин керек деп есапланған нәрселердиң көбиси жоқ. Аўа, қандай да мәнисте олар көп нәрсени қурбан етеди, бирақ бул қурбанлықлар олардың орнына алатуғынына салыстырғанда бозарады. Дерлик ҳәр бир жағдайда…
• Бул бахытлы, қуўанышлы шаңарақлар.
• Ата-аналардың екеўи де ислейтуғын шаңарақларға қарағанда, оларда көбинесе ҳақыйқый баҳалықлар ҳаққында көз-қарас дурыслырақ.
• Олар ҳәмме нәрсеге, «күнделикли наннан» баслап жоқары билим алыўға төлеўге дейин дуўа етип Қудайға исениўди үйренген.
• Ата-аналар бәрқулла балалары қай жерде екенин биледи ҳәм оларды гүзете алады, олардың ойынларын ҳәм ислерин керекли бағытқа жоллай алады.
• Балалар ҳәм ата-аналар досласыўды баслап атыр.
• Олар ибадатхана хызметлеринде жедел қатнасады, ал ата-аналарының екеўи де күндеги көп ўақтында жумыс ислейтуғын, ҳеш нәрсеге ўақты ҳәм күши жоқ.
Ал енди өзлеримиз пикирлериңизди айтың, ким көп жойтады?
Көпшилик ақ сүйек ҳаяллар да, карьераны шаңарақ пенен бирлестириўге ҳәрекет еткен ҳаялдың үйинде қандай аўыр болатуғынын түсинеди. Актриса Кэтрин Хэпберн бир интервьюда былай деп айтты:
Мен ҳаяллардың карьера менен әўметли шуғылланып турып бир ўақытта ана болыўына исенбеймен. Мениң заманласларымның машқаласы, олардың ҳәммесин бирден қәлеўинде. Бирақ, ҳеш ким анаған да, мынаған да ийе бола алмайды.
Басқа актриса, Джоанн Вудворд оған қосылады:
Мениң карьерам балаларым себепли зыян көрди, ал мениң балаларым карьерам себепли зыян көрди. …Мен олардың ортасында едим ҳәм ҳеш бир тараўда әўметке ерисе алмадым. Мен ҳәр тәреплеме әўметли бирде бир адамды да көрмедим, бирақ жүдә көп санлы жумыс ислейтуғын аналарды билемен.
Бизиң дүньямызда «идиал»ға қол жетпейтуғын гүнадан жеңилген жағдайлар болады. Ажырасыўдың ҳәм жалғыз-аналардың жоқары пайызы бизлерди өзлеримиздиң идеалымызға усланыўға мәжбүр етиўи керек. Бул бизлердиң минсиз Қудайдың еркиниң орынланыўына талпыныўды оятыўы керек. Бизлер өзимиздиң мәдениятымыздың тәсирине қарсылық етиўимиз керек. Ақыр-ақыбет дәл «исши аналар» философиясы көп жағдайда ажырасыў дәрежесиниң өсиўине, және жалғыз аналар, қыянет, өзине жеткиликли ғәрезсиз ҳаяллардың, жас өспиримлер арасында зорлық ҳәм диңкеси қурыған, қыйналған, бахытсыз ҳаяллар санының көплигинде айыплы.
Дороти Паттерсон ҳәммемизге еслетеди:
Әлбетте, балаларды өсиремен дегенше көп «Өз жумысыңды» табыў мүмкиншилигин өткерип жибериў мүмкин. Бирақ, кейинге қалдырыўға болмайтуғын тек бир мәселе бар-бул жеке балаларыңызды тәрбиялаў жумысы, себеби бизиң дәўиримизде көпшилик балалар қолайлы үйде өсиў мүмкиншилигине ийе емес.
Мениң музлатқышымда досларымның сүўретлери қыстырылып тур. Бул магнитли акрил рамкаларына салынған сүўретлер, оның үстиндеги дерлик ҳәр бир квадрат сантиметрин жабады. Оларда улыўма алғанда үш жүзге шамалас балалары бар дерлик тоқсан шаңарақ көрсетилген (онлаған ақлықларын айтпағанда).
Жақында мен ҳәр жылы ислейтуғын дәстүриме еки саат ўақытымды кетирдим, — ескилерин, маған Рождествоға жиберген таза сүўретлер менен алмастырдым.
Барлық таза сүўретлер өз орнында болғанда мен толық сүўретти көриў ушын кейинге шегиндим. Мен бул шаңарақлардың жыл даўамында басынан кеширгенлерин есиме түсирдим. Сегиз шаңарақты Қудай және бир перзент пенен жарылқады. Ҳеш болмағанда жети шаңарақта бир ақлықтан туўылды. Жети шаңарақтың улы ямаса қызы некели болды. Он беси — көшип кетти. Алты шаңарақ түрли ойда турды. Сүўреттеги адамлар жымыйған еди. Бирақ, айырым идеал сүўретлер артында адам көрсеткиси келгеннен де көбиреги жасырынған. Бир неше адам мениң менен олардың жақынларының биринде аўыр физикалық ямаса руўхый сырқаўланғаны ҳаққында бөлисти: шаңарақ жақынларын жойтыўды басынан өткерди. Бир жуп ажырасыў шегинде болды.
Мен шаңарақтың сыры ҳаққында ойладым — «аўырғанда ҳәм саў болғанда, қайғыда ҳәм қуўанышта»… Шаңарақ — ҳәр биримиз ушын әҳмийетли нәрсениң орайы. Егер үйде ҳәммеси тәртипте болмаса, бул адамның өмириниң ҳәр бир аспектинде көринеди. Мен онлаған шөжели таўыққа уқсайтуғын, толық уя шөжелер менен оралған ҳаялларға қарадым ҳәм таза, жаңа туўылған өмирди сақлаўды шешкенлер ушын әжайып жыйылған миннетдаршылықты сездим.
Мен сүўретлердиң ортасына сизлер, бәлким, көп жыллар алдын көрген наклейканы орналастырдым: «Өмир — қандай әжайып таңлаў». Бул ҳаяллар балалары ушын өмирди таңлады (ал, буны тек ҳаял ғана ислей алады) ҳәм олар өмирди ҳәр күни таңлайды:
• олар таярлайтуғын ҳәр бир түсликте;
• олар жуўатуғын ҳәр бир патас кийимлер үйиминде;
• балалар менен азық-аўқат дүканына, мектепке, тис шыпакерине, музыка мектебине, спорт секциясына ямаса аяқ кийим дуканына барыўында;
• олар тазалап, байлайтуғын ҳәр бир сынған дизеди;
• олар айтатуғын ҳәр бир жақсы сөзде;
• олар аўырыў ямаса қорққан баланың төсегинде өткерген ҳәр бир саатта;
• олар шешетуғын ҳәр бир тартыста;
• олар конструктор жыйнаған, сүўретлерди бояған, математикадан мәселе шешиўге жәрдем берген, Мухаддес Китаптан ўақыя оқыған күйеўи ямаса балалары өткен күн ҳаққында айтып бергенлерин еситкен ҳәр бир ўақытта;
• олар руўхый өсиў ҳәм шаңарағын қорғаў ушын жәрдем беретуғын ҳәр бир минутта.
Күн сайын олар өзлериниң шаңарақларын дөретеди, өмир береди, тийкарын салады ҳәм және көп әўладлар туратуғын мемориал ескерткишлерди қурады. Дүньяда ҳәммесинен көбирек олар өзиниң Жаратыўшысын ҳүрметлейди.
ӨТИРИК
18. КЕРЕК НӘРСЕЛЕРДИ ИСЛЕЎГЕ МЕНДЕ ЎАҚЫТ ЖОҚ
ҲАҚЫЙҚАТ
• Ҳәр бир күнде Қудайдың меннен қәлегенлерин ислеўим ушын ўақыт жетерли.
ӨТИРИК
19. МЕН ТУРАҚЛЫ ДУЎАСЫЗ ҲӘМ СӨЗДИ ОҚЫЎСЫЗ ТОЛЫҚ ЕПЛЕЙ АЛАМАН
ҲАҚЫЙҚАТ
• Қудай менен Сөзди оқыў ҳәм дуўа етиў арқалы қатнасты раўажландырмай турып жақсы ҳаял болыў мүмкин емес.
ӨТИРИК
20. ҲАЯЛ ҲӘМ АНА РОЛИНЕ ҚАРАҒАНДА КАРЬЕРА КӨБИРЕК ҚАНААТЛАНЫЎ АЛЫП КЕЛЕДИ
ҲАҚЫЙҚАТ
• Қудайдың ерки бойынша ҳаял ҳәм ана болыўдан басқа жоқарырақ ҳәм мухаддес хызмет жоқ.
• Қудай ҳаялды айрықша қылып жаратты-тек ол бөпеге өмир бере алады ҳәм оны азықландыра алады.
• Ҳаял ушын үйиниң жүреги болыўдан артығырақ қуўаныш жоқ.
• Қудайдың мақсети бойынша ҳаял ҳәммесинен алдын күйеўиниң ҳәм балаларының мүтәжин қандырыўы керек.
1. Қудай менен КЕЛИСИҢ.
Өзиңиз ҳаққында қандай өтирикке исендиңиз?
2. Жуўапкершиликти өзиңизге АЛЫҢ.
Бул өтирикке исениў сизиң жасаў образыңызға қалай тәсир етти (сизиң қатнасыңыз ҳәм ҳәрекетиңиз)?
3. Ҳақыйқатты ЖӘРИЯЛАҢ.
Төменде келтирилген ҳақыйқатлықтың ҳәр бирин даўыслап оқың. Усылардың қайсысы ҳәзир сиз ушын айрықша әҳмийетли?
Өзиңиздиң ақылыңызды Қудайдың Сөзи менен жаңартың. Даўыслап келеси үзиндилерди оқың. Бул аятлар сизиң өмириңиздеги Қудайдың бириншиликлери ҳаққында не айтады?
Забур 89:10-12
Матта 6:25-34
Лука 10:38-42
Тимофей 1-хаты 5:9-10
Тит 2:4-5 (некели ҳаяллар ушын)
Коринф 1-хаты 7:29-35 (некесиз ҳаяллар ушын)
4. Ҳақыйқат тийкарында ҲӘРЕКЕТ ЕТИҢ.
Өмириңиз ҳақыйқатлыққа туўра келиўи ушын қандай адым атыўыңыз керек?
5. Ҳақыйқатта жүриўиңиз ушын Қудайдан жәрдем СОРАҢ.
АЛТЫНШЫ БАП
ҲАЯЛЛАР ИСЕНЕТУҒЫН ӨТИРИК…
…НЕКЕ ҲАҚҚЫНДА
Мың жыл алдын Едем бағында жүз берген ўақыя тек Қудай ҳәм адамларға қарата емес, ал некеге де қарсы топылыс болды. Неке Өзиниң уллылығы ҳәм жуўыўшы мақсетлериниң көриниўи ушын Қудай тәрепинен жаратылған еди. Бул мухаддес қурылыўды үзип, шайтан Қудайдың мәңгилик мақсетине күшли соққы берди.
Шайтан ҳәммесинен алдын некели ҳаялға тосыннан ҳүжим жасаған жоқ. Ол оны Қудай, Оның минези ҳәм Сөзи ҳаққында алдады, оған гүна ҳәм оның ақыбети ҳаққындағы өтирикке исендирди. Ол бул өтирикке исенди ҳәм оның тийкарында ҳәрекет ете баслады, ал кейин күйеўин де гүнаға алып келди. Бул олардың некесине үлкен зыян келтирди.
Азатлықтың орнына олар уялыўды алды. Ашық сәўбетлесиўдиң орнына-ҳийлекерлик ҳәм еки жүзлилик. Адам-ата ҳәм Ҳаўа-енениң бирлиги енди душпанлыққа айналды-тек Қудайға қатнасында емес, ал бир-бирине.
Өзиниң ҳаялын сүйип басқарыўдың орнына, еркек зулымлық басқарыўдан ҳәлсиз алыслаўға шекем барды. Ҳаялға оның руўхый «бөлиминиң» басшылығында кепилли қорғаў енди жоқ болды ҳәм Қудайды тыңлаўды қәлемеўи оның күйеўине тәсир етти, сондай етип ол және де таза өтирик, гүна ҳәм душпанның топылыслары алдында қорғаўсыз болды. Еркек, ҳаял ҳәм олардың Қудайының арасындағы қуўанышлы ҳәм жемисли дослық, турақлы түрдеги гүреске айналды.
Соннан бери бул ўақыя ҳәр бир некеде қайталанады.
Бизиң өмиримиздиң қәлеген тараўында некеде де өтирик сол сыяқлы шайтанның бузыўшы мақсетлерине жететуғын жақсы қуралы болып қалады. Егер ол күйеў ҳәм ҳаялға өзиниң өтиригине исениўге ҳәм оның тийкарында ҳәрекет етиўге мәжбүр ете алса, онда оларды қул қылады, қуўанышын урлайды ҳәм олардың қатнасын бузады. Онда неке ҳаққындағы өтирик биреў емес — олар есапсыз. Мине бириншиси:
Өтириктиң көп түрлери сыяқлы бул өтирик те — ҳақыйқатлықты ҳийлекерли бурмалаў. Ҳақыйқат, неке-бул жақсы ҳәм туўры, буны Қудай көпшилик адамларға тилейди ҳәм масихый неке үлкен қуўаныш ҳәм жарылқаўға айналыўына тийкарланған. Шайтан неке ҳаққында некениң мақсети ҳәм мәниси-бул жеке бахыт ҳәм табыс, ҳаял өзин сүйетуғын ҳәм мүтәжликлерин қанаатландыратуғын күйеўисиз ҳақыйқаттан бахытлы бола алмайды деп ҳақыйқатлықты бурмалайды.
Ҳаял турмысқа шығып атырғанда бул өтириктиң ҳәр түрлилигине исенеди: «Мениң күйеўим мени бахытлы қылыўы керек». Мен Мирна деп атаған ҳаял, тек бир неше жылғы жүрек аўырыўынан кейин өзиниң исенимлериниң қәте екенин түсинди:
Некениң тийкарғы мақсети бизлерди бахытлы қылыўдан емес, ал Қудайдың уллылығын алып келиўден ибарат. Бахыт табыўға үмит етип турмысқа шығатуғын ҳаяллар, өзлерин сөзсиз болатуғын пушайманшылыққа дуўшар етеди, олар излегенин жүдә сийрек табады.
Бахыт ушын өзлерине күйеў керек деп ойлайтуғын ҳаяллар, Қудайдың өзине таярлап қойғанының азырағына қанаат етеди. Джоан маған бул өтириктиң өзин қалай қуллыққа алғанын ҳәм өзи күтпеген аўырыўлы нәтийжеге дус болғанын айтып берди:
Бул ҳаял алданған еди. Ол бахыт ушын өзине күйеў зәрүр екенине исенди. Ол бул өтириктиң тийкарында ҳәрекет етти — Қудайдың Сөзиниң анық үйретиўине қарсы келетуғын, исенбейтуғын адамға турмысқа шықты. Ол, көрингениндей, қәлегенин алды. Турмысқа шығыўды қәлегени менен ақыр-ақыбет Руўхы жараланып терең руўхый дағдарыста қалды (Забур 105:16 — қа қараң).
Күйеўиң бар, жоқлығынан ғәрезсиз еркинликти тек ҳақыйқатлықты түсинип ҳәм қабыл алыўдан табыўға болады. Кейинги гүўалықлардың ҳәр бири, өтирикке исениў қуллыққа алып баратуғынын, ал ҳақыйқатлық еркин ететуғынын сүўретлейди:
Бахыт некеде емес (ҳәм оннан тысқарыда емес). Бахыт улыўма инсанлық қарым-қатнаста да емес. Ҳақыйқый қуўаныш тек Ийса Масихқа тийкарланған.
Қудай бизлерге неге мүтәж болсақ ҳәммесин бериўге ўәде береди ҳәм егер Ол некеде бизлер Оған көп алғыс алып келе алатуғынымызды көрсе, онда Ол бизлерге некени береди.
Қанаатланыў барлық жақсылықларға ийе болыўдан келмейди, ал Қудайдан әлле-қашан берилгенин қабыллаўдан.
Өзиниң мақсетине жетиўге талпынатуғынлар өзлерине артық бас аўырыўын алады. Ал Қудайға үмит ететуғынлар бәрҳа Оннан жақсырағын алады.
Биз ҳаяллардың көпшилиги, тәбиятымызға көре өзгерислерге талпынамыз. Егер бизлерге бир нәрсе унамаса, бизлер оны өзгертиўди өзимиздиң парызымыз деп билемиз. Егер бизлерге ким болса да унамаса, онда бизлер оны да өзгертиўимиз керек. Бул сезим бизге қол жетпестей көринеди, әсиресе гәп бизлер менен бир там астында жасайтуғынлар ҳаққында кетсе. Бирақ егер бизлер әтирапымызда өзгертиў-бизлердиң парызымыз деп ойласақ, онда сөзсиз кеўлимиз қалады ҳәм қасарысамыз.
Некеде бул өтирик, ол бул жерде расы менен де бир нәрсе өзгерте алса да, ҳаял өзиниң жеке парызы ҳәм Қудайдың алдында жүриси ҳаққында ойлаўды тоқтатыўына алып келеди. Буның орнына ол басқа адамның қәтеси ҳәм миннети ҳаққында тәшўишленеди. Ол өзиниң күйеўиниң жүрегин өзгерте алмайды (ямаса балаларының). Бирақ ол өзиниң жүрегин өзгертиўде Мухаддес Руўхқа жәрдем бере алады.
Егер ҳаял бәрҳа күйеўиниң қәте ҳәм ҳәлсизликлерин туўрылайтуғын болса, онда Қудайдан өзине берилмеген жуўапкершиликти өзине алады ҳәм ўақыя албыраўшылық ҳәм күйеўине, бәлким, Қудайға да күшли өкпелеў менен тамам болады. Өзиниң минез-қулқы менен ол Қудайға күйеўин өзгертиўинде кесент етиўи мүмкин. Егер ҳаяллар Оған ойындағысын иске асырыўына жол қойғанында Қудай нешше күйеўлерди өзгерте алған болар еди!
Көпшилик исениўши ҳаяллар, еки күшли «қуралды» қолында услап күйеўине тәсир ететуғынын түсинбейди. Қайраў, үйретиў ямаса айыплаўға ҳәрекет етиўге қарағанда олар көбирек тәсир етеди. Биринши қурал — бул жақсы өмир, Қудайдың көбинесе еркекти әшкаралап ҳәм онда руўхый ашлық шақыратуғын мысалында (Петрдиң 1-х 3:1-4 — қа қараң).
Екинши қурал — дуўа. Егер ҳаял бәрҳа күйеўине оны өзгертиўди қәлейтуғынын еслетсе, онда ол қорғаныўды ҳәм қарсыласыўды баслайды. Өзиниң қәўетерлерин Қудайға төгип сала отырып, ол уллы күшти араласыўға ҳәм күйеўине тәсир етиўге шақырады. Бәрҳа қайрайтуғын ҳаялға қарағанда, еркектиң Қудайға қарсылық билдириўи қыйынырақ!
Бул қатнаста маған Ийсаның анасы Марямның мысалы жүдә унайды. Оған периште келди ҳәм жақында Қутқарыўшының анасы болатуғынын айтты — ўақыя өз-өзинен таң қаларлы! Ол болып өткен ўақыя ҳаққында Юсупке айтқанында, ол алдын оған исенбеди, себеби периштени ол көрмеди. Юсуп ақылға сәйкес шешим қабыллады: ол маған садық емес.
Бизлер Мухаддес Китапта Мариямның Қудайдың сөзине исениўге Юсупты мәжбүрлеўге ҳәрекет еткени ҳаққында бир де еслетиў таба алмаймыз. Буның орнына ол Қудайдың Өзи күйеўине сөйлеўин күтти, кейин бул жүз берди. Периште Юсупке көрингенде, ол оған исенди ҳәм дурыс ҳәрекет иследи. Мариям ҳақыйқатлықты жүрегинде сақлаўды ҳәм ол ҳаққында пикирлеўди билетуғын еди (Лука 2:19 — қа қараң). Ол өзине күтиўди ҳәм тыныш қалыўды рухсат ете алатуғын еди, себеби Қудайдың күшли екенин билетуғын еди ҳәм өзиниң шаңарағында Қудай Өзиниң мақсетин әмелге асыратуғынына исенетуғын еди.
Мен дерлик он жети жыл көрмеген бир ҳаял жақында бизлердиң улыўма досларымыздың тойында маған жақынлап: «Сен мениң некемди қутқардың!», — деп айтты. Мен оннан не болғанын еслетиўин илтимас еттим. Ол он жети жыл алдын күйеўиниң руўхый жағдайынан тәшўишленгени ҳаққында бөлискенин айтты: «Сен маған күйеўиңди алмастырыў-мениң емес, ал Қудайдың жумысы ҳәм мен оның менен сөйлесип, кейин шетке шығып, қалғанын Қудайдың ислеўине жол қойыўым кереклигин айттың». Ол даўам етти: «Мен сениң мәсләҳәтиңе қулақ салдым ҳәм усы жылларда ол ҳаққында өзимниң танысларым менен бөлистим».
Кейин ол маған Қудайдың күйеўин өзгертип баслаўын күтиў қаншелли мийнет болғанын айтты.
Кейин «күтилмегенде» узақ жыллардан кейин Руўх күйеўимниң жүрегинде шырақ жақты ҳәм оны толық өзгертти. Ол комадан шыққан сыяқлы еди. Ҳеш бир көринетуғын себеплерсиз ол Қудайдың сөзине қуштар бола баслады. Мухаддес Китаптан көзин үзе алмады, күнделик пайдалыныўды баслады ҳәм Сөз арқалы алған Қудайдың ашылысларын оған жаза баслады. Ол: «Алдын мен оны азанғы аўқатқа төсегинен турғыза алмайтуғын едим. Енди ол ҳәр күни таңғы алтыда отызда баслайтуғын еркеклер дуўа етиў топарына барады!», — деп айтты. Жақында ол өзиниң бизнесин сатыўы ҳәм көбирек ўақытты хызметке ажырататуғыны ҳаққында сөз ашты. Бул киси менен жүз берген ўақыяға ҳеш қандай ақыллы түсиндириўлер жоқ — буны тек Қудай ҳәм күйеўи ушын ҳақыйқатлықтан дуўа етиўди үйренген ҳаял ислей алады.
Мине еки он жыллыққа шамалас масихый дүньяда исениўши еркеклерди Қудайдың жүреги бойынша еркек болыў, өзиниң ҳаялын ҳәм балаларын сүйиў ҳәм бул сүйиспеншиликти қурбанлық хызмет пенен көрсетиўге шақыратуғын күшли қозғалыс бар. Қудайдың еркеклерди өзгертип ҳәм олардың жүреклерин Өзине ҳәм шаңарағына қарататуғынын гүзетиў сондай қуўаныш. Бирақ бизлер, ҳаяллар, Қудайдың өзлеримизге тапсырған роли ҳаққында умытпаўымыз керек. Заманагөй хош хабарлық дүньяда еркеклерди үйине барыўға ҳәм оларды ҳаялларына хызмет етиўге шақырыў «дурыс» болып есапланады. Бирақ, негедур ҳаялларға күйеўлерине хызмет етиў ўазыйпасын еслетиў «надурыс» болып есапланады.
Бирақ, Қудай еркекти ҳаялға «жәрдемши» болыў ушын жаратпады-ғо. Керисинше, Ол ҳаялды еркекке «жәрдемши» қылып жаратты. Әлбетте, бул күйеўлер өзиниң ҳаялы ҳәм балаларына хызмет етпеў керек дегени емес. Күйеўлер, Масихтың Ибадатхананы сүйгениндей, өзиниң ҳаялын сүйиў керек болса, онда олар Масих Өзиниң Қалыңлығына хызмет еткениндей, олар ушын өмирин бериўге ҳәм хызмет етиўге таяр болыўы керек дегенди билдиреди.
Бирақ, егер бизлер, ҳаяллар неге «ылайық» екенимиз өзимиздиң ҳуқықымыз, бизлер ушын еркеклердиң ислейтуғын «ўазыйпасы» ҳаққында ойлап басласақ, онда сөзсиз күткенимизден пайдасыз аўырыў ҳәм қапашылық жыйнаймыз. Жарылқаў ҳәм қуўаныш тек алыўға емес, ал бериўге талпынсақ ҳәм шаңарағымыз ағзаларының мүтәжликлерин қандырыў, жарылқаў ҳәм хызмет етиў мүмкиншилигин излесек ғана келеди.
Ҳаялдың үйдеги хызметиниң баҳалылығын көринерли дәрежеде пәсейткен заманагөй феминистлер қозғалысының тәсири астында бизлердиң пикирлеўимиз қуралған. Мэри Кассиан өзиниң әжайып «
Оукли… статистиканың көз-қарасы бойынша ҳаяллар мийнетиниң шоршытатуғын жағдайы ҳаққында айтып бериўге ҳәрекет етти. Бул жүдә аўыр, адамлардан ажыратылып, дерлик төленбейтуғын, жеңиллик, компенсация, пенция, дем алыс, байрам ҳәм мийнет жағдайын жақсылаў мүмкиншилигисиз… исленген көп саатлы жумыс. Оукли үй бийкесиниң жумысы-үйге ҳәм балаларға қараў эксплуатация ҳәм қуллық… екенин дәлийллеўге ҳәрекет етти. Оуклидиң пикири бойынша барлық ҳаяллар өзлерин еркеклердиң қалай азап беретуғынын түсинбегенше, феминистлер қозғалысы өзиниң мақсетине жетпейди.
Мениң анам усындай «азапланған»лардың бири еди. Китап ушын аналар ҳәм қызларға арналған бапты жазыўды меннен илтимас еткенинде, мен анамның өмирин былай сүўретледим:
Мениң анам таңлаў мүмкиншилигине ийе зейинли ҳаял болса да, ол күйеўине «ылайықлы жәрдемши» болыў ушын көп нәрсени ўәде ететуғын қосықшы карьерасынан қуўаныш пенен бас тартты.
…Алпысыншы жыллары, ҳаялларды ғәрезсиз болыўға, жеке карьерасы менен шуғылланыўға, ҳүрметке ерисиў ҳәм өзин иске асырыўға исендирген ўақытлары, мениң анам пүткиллей басқа ролди атқарды-ол өзиниң күйеўиниң шақырығы астында жасады. Ол күйеўиниң өмири өзиниң жеке мүтәжликлери ҳәм қызығыўшылықларының әтирапында айналыўын күтпеди, ал өзиниң өмирин күйеўиниң қызығыўшылығы есабынан қурды. <…>
Әкем анамнан «жәрдемши» ролин орынлаўды талап етпегенин түсиниў әҳмийетли. Анам бақырмады ҳәм қанаатланбаўшылық билдирмеди. Ол бул еркекти шын сүйди ҳәм оны қоллап-қуўатлап, жигерлендирип өмирде бирге жүриўде қанаатланыў тапты.
Әкеме Қудайдың еркин жақсырақ орынлаў мүмкиншилигин бериў ушын анам бизлердиң жүдә үлкен хожалығымыздағы барлық жумысты қуўаныш пенен иследи. Көпшилик заманагөй ҳаяллар буннан өмирди азапланыў деп баҳалаған болар еди. Бирақ, мениң анам «пәслетилген ҳәм қорланған» сыяқлы ҳеш көринбейди. Керисинше, әкем Қудайдың өзине саўға еткен жәрдемшисин жоқары баҳалады ҳәм қәдирледи ҳәм Қудайдан оған берилген қәбилетлер ҳәм талантлардың қандай көбейип атырғанын көрип қуўанатуғын еди.
Ҳақыйқат Оған ямаса басқаларға хызмет етип, бизлер Ийсаға уқсайтуғынымыздан турады. Хызмет етиўге шақырылғаннан жоқарырақ ҳеш нәрсе жоқ.
Сулайманның нақыл-мақаллары китабының 31-бабында айтылған ҳаялдың маған ҳәммесинен де оның өзин ҳеш ойламайтуғыны таң қалдырады. Ол «өзин көрсетиўге» талпынбайды, жеке карьерасына, жеке банктағы счетына, миннетдаршылық ҳәм уллылыққа қызықпайды. Керисинше, ол жеке мүтәжи ҳәм қызығыўшылығы ҳаққында ҳеш ойламайтуғын сыяқлы; буның орнына ол күйеўи ҳәм балаларының мүтәжликлери, сондай-ақ қасында жасап атырған адамлар ҳаққында ғам шегеди. Алдын, жоқарыда көрсетилген үзиндини оқып, Энн Оуклидиң, үй бийкелери — бахытсыз, азапланған жаратылыстай деген шешимине қосылыў мүмкин. Бирақ бул ҳаялға және бир мәрте қараң:
• Ол жақсы кийинген (Нақ. мақ. 31:22 — қа қараң).
• Оның үйинде азық жетерли, басқалар менен бөлисиўге де бар (Нақ. мақ. 31:15, 20 — қа қараң).
• Ол эмоционаллы бир қәлипте ҳәм келешек алдындағы қорқыныштан азат (Нақ. мақ. 31:21, 25 — қа қараң).
• Оның күйеўи оған ашық. Ол оған садық, ол «миллионлардың ишинде биреў» дейди. Ол оған бул ҳаққында айтады ҳәм досларының алдында ҳаялы менен мақтанады (Нақ. мақ. 31:11, 28-29, 31 — қа қараң).
• Оның балалары оны ҳүрметлейди ҳәм алғыслайды (Нақ. мақ. 31:28 — қа қараң).
Негедур ол хорланған ҳаялға уқсамайды! Қайсы ҳаял өзиниң мийнетине усындай сый алғанда бахытлы болмайды? Бирақ ол буған қалай еристи? — Ол күйеўиниң жеңин түрип үй жумысларын ислеўине табан тиремеди (күйеўлер ҳаялларына үй жумысында жәрдем бергениниң ҳеш жаман жери жоқ болса да). Ол хызмет етиў жолын таңлады ҳәм оның бириншилиги (Қудай менен қатнасынан кейин) жақынларының мүтәжин қандырыў болды.
Вики атлы ҳаял, күйеўи оған хызмет етиўи керек деген өтириктен Қудайдың қалай азат еткени ҳаққында айтып берип атыр:
Бир неше жыл алдын, бир үлкен протестант деноминациясы, некедеги бойсыныў сораўына «жаңа» көз-қарасты айтып хош хабарлық дүньяда қәҳәрлениўди алып келди:
Ибадатхананың Масихқа қуўаныш пенен бойсынғаны сыяқлы, ҳаял да сүйиўши ерине өз ерки менен бойсыныўы керек.
Бойсыныў менен байланыслы қыйыншылықлар, тек бизиң дәўиримиздиң ҳаялларына тән емес. Дәл сол машқалаға Едемде Ҳаўа-ене де дус болды. Жылан тийкарынан Ҳаўа-енеге: «Қудайдың сениң өмириңди басқарыўға ҳақысы бар ма?» — деп айтты. Басқа сөз бенен, ол оны: «Сен өмириңди өзиң басқара аласаң, сен ҳеш кимге бойсыныўға миннетли емессең», — деп исендирди.
Ол Ҳаўа-енени Қудайдың буйрықларына бойсынып бахытсыз боласаң ҳәм көп нәрсени жойтасаң деп исендирди. Сол күннен баслап шайтан шеберлик пенен ҳаялларды, бойсыныў — жаман реңли сөз, өмирди бундай түсиниў жүдә тар ҳәм оларды азатлықтан айырады деп исендиреди. Ол әжайып, мухаддес ҳәм күшли ҳақыйқатлықты көриксиз, қорқытатуғын ҳәм ийтеретуғын нәрсеге айландырды.
Шайтан егер бизлер бойсыныў ҳаққында мухаддес китаплық ҳақыйқатлықты — Қудайдың ең азат ететуғын ҳақыйқатлықларынан бирин түсинсек — онда оны қуўаныш пенен қабыллайтуғынымызды биледи. Ол бизлердиң бойсыныў жолын таңлаўымызға жол бере алмайды, себеби бундай болса бизлердиң өмиримиз ҳәм бизлерге қәдирдан адамлардың өмири үстинен бийликтен айрылады.
Адамлардың гүнакар тәбиятының тийкары (сондай-ақ, мен феминистлик идеологияны ойлайман) — жағымсыз бийлик. Биз бизлерге не ислеўимизди көрсетиўин улыўма қәлемеймиз. Бизлер өзимиздиң өмиримизди өзимиз басқарыўды ҳәм шешим қабыллаўды қәлеймиз. Енди жүриўди баслаған гөдеклер нәзик нәрселерди услаўға жол қоймағанды жүдә жаман көреди. Жас өспиримлер оларға үйге саат нешеде қайтыў кереклигин айтқанды қәлемейди. Бизлер, үлкенлер, бизлерге аўыл аралық жолда саатына 60 киломертден тезирек жүриўге болмайды ямаса қәўипсизлик белбеўин тағыў керек деп айтқан жақпайды.
Көпшилик ҳаяллар өзлериниң күйеўлерине бойсынбайды ҳәм олардың арасында көбиси хош хабарлық ибадатханадан. Мен бул мухаддес китаптың үйретиўлерин жетерли түсинбегени, тийкарын ҳәм бундай бойсыныўдың баҳалығын дурыс түсинбегени менен байланыслы деп ойлайман. Және шайтанның өтириги ең көп түрли формаларды қабыллайды.
1.
2.
3.
4.
Ҳәй ҳаяллар, Масих Қудайға бойсынғандай, сизлер де күйеўлериңизге бойсыныңлар. Сонда олардың гейбиреўлери Қудайдың сөзине қулақ аспаса да, сизлердиң Қудайдан қорқып пәк өмир сүрип атырғаныңызды көрип, сөзлериңиз арқалы емес, ал сиз ҳаяллардың үлгили өмириңиз арқалы исениўши болады.
Қудай бийликти не ушын жаратқанын түсинип, мен бойсыныўдың тийкарына басқаша қарай басладым. Қудай бийликти руўхый жақлаўшы ҳәм қорған усылы етип белгиледи.
Сиз еки жасар балаңызға жолды үлкен адамсыз кесип өтиўди қадағалағанда, сиз жаўызлық етип атырған жоқсыз. Сизлер жолда «зулымлы» машиналар жүретуғынын билесиз ҳәм өз балаңыздың пайдасын ойлайсыз. Сиз өз балаңызды қорғаў ушын бийликти қолланасыз (ол бул қорғаўға мүтәж екенин толық түсинбесе де).
Бизлер Қудайдың бизлерге берген руўхый жақлаўшысының бийлиги астында болсақ, Ол бизлерди қорғайды. Басқа тәрептен, бизлер өз айтқанымызда турып алып, бул жақлаўдан шықсақ, онда душпанның алдында ҳәлсиз болып қаламыз.
Мен көпшилик масихый-ҳаяллардың ақылы, ерки ҳәм сезимлерине шайтанның ҳүжимлери дәл күйеўиниң бийлигине бойсынбаўға қарсыласқанына исенемен. Бизлер бойсыныўшылықтан шыққан ўақытта, ол аўыр сораўлар ямаса әҳмийетсиз майда-шүйде болсын, бизлер душпанның жеңил олжасы боламыз.
Мен бойсыныў ҳаялларға түрли қайғы ҳәм зорлықлардан қорғаўды тәмийинлеўин нәзерде тутып атырған жоқпан. Бул және де, зорлық бәрҳа ҳаяллардың нызамлы бийликке бойсыныўдан бас тартыўының ақыбети дегени емес. Мухаддес Жазыў бойынша әдил, бойсыныўшы адам зорлықтан азап шегиўи мүмкин. Петрдиң жазған биринши хатында, Қудайдың не ушын қыйыншылық жиберетуғыны ҳәм егер әдиллик ушын азап шегип атырсаң өзиңди қалай тутыў кереклиги түсиндириледи.
Егер оның қасында қалыў өмир ушын қәўипли болса, бойсыныўшы ҳаялларға бәрибир өзин ҳәм балаларын күйеўиниң тәсиринен қорғаўға туўра келетуғын жағдайлар ушырасады. Бирақ, ҳәтте, бундай жағдайда ҳаял — күйеўиниң тутқан орнына ҳүрметин сақлап қала алады — ҳәм сақлаўы тийис. Оның мақсети — оны күйеў сыпатында кемситиў ҳәм оған қарсы турыў емес, ал оның өзгериўин ҳәм Қудайға бойсыныўын тилеў. Егер ҳаял оны азғыртып ямаса өзиниң қатнасы менен жағдайды қыйынластырса, егер өзиниң сөзлери ямаса минези менен ол Қудайға кесент етсе, онда Қудайдың қорғаўы ҳәм араласыўына ерисе алмайды.
Егер сиз танысларыңыздан ким болса да усындай қыйын жағдайда болса, Қудайдан сизлерге дана мәсләҳәт бере алатуғын адамды көрсетиўин сораң. Жақсысы, бул сизиң ибадатханаңыздың жетекшиси болсын (Анық жағдайларда жәрдем бериўге уқыплы және басқа да усыллар ҳәм ҳақыйқатлықлар бар. Бул китаптың ақырында усындай жағдайларға түскен ҳаялларды қызықтыратуғын қосымша дереклер көрсетилген «Кейинги үйрениў ушын» атлы бөлим киритилген).
Мен ушын тийкарғы мәселе мениң Қудайға исениўим ҳәм Оның бийлигине бойсыныўға разы болыўымнан ибарат екенлигин түсиндим. Егер мен Оны тыңлаўға таяр болсам, онда маған Оның мениң алдыма қойған адамына бойсыныў әдеўир аңсат болар еди.
Сулайманның нақыл-мақаллары китабында (21:1), — «патшаның жүреги — суў ағысы сыяқлы Қудайдың қолында: Ол оны қаяққа қәлесе, сол жаққа бағытлайды», — деп айтылған. Қудайдан берилген бийликке бойсыныўды қәлеўимиз бизиң исенимимизди пайда етеди-бизлер ушын Қудайдың қаншелли уллы екенин көрсетеди.
Уллы бийлик қәлеген инсанлық бийликтен жоқары турады. Нәтийжеде ҳеш бир адам бизиң өмиримиздиң үстинен бий емес. Бойсыныў бизлерди қолында «патшаның жүрегин» услаған бизлердиң дана, сүйиўши, күшли Аспандағы Әкемиздиң қорғаўы ҳәм қатламы астында алып барады.
Мәселе мынада: ҳақыйқаттан да биз қәлеген инсанлық бийликтен Қудайдың жоқары екенине исенемиз бе? Бизлер, егер керек болса Ол бийликте турған адамның да жүрегин өзгертетуғын қүдиретке ийе екенине исенемиз бе? Бизлер, егер үстимизде қойылған бийликке бойсынып ҳәм өз орнымызды ийелегенде бизлерди қорғаў ушын ол жеткиликли дәрежеде күшли екенине исенемиз бе? Бизлер, Ол бизлер ушын не жақсы екенин билетуғынына исенемиз бе ҳәм Ол Өзиниң минсиз, мәңгилик еркин орынлаўы ушын Оған исениўди қәлеймиз бе?
Ҳақыйқат, бизлер Петрдиң биринши хатында көргенимиздей (3:1-2), ҳаял күйеўине бойсынғанда, ол оның жүрегинде Қудайға ҳәрекет етиўге ҳәм оны бойсыныўға алып келиўге жол қойыўынан ибарат. Петр даўам етип, бойсынған жүректиң ҳаялға ең әжайып ҳәм мәңгилик сулыўлықты беретуғынын айтады:
Сулыўлығыңыз тек сыртқы безениўлерден: әшекөйленген шашлар, тағылған алтынлар ҳәм сәнли кийимлерден ғана ибарат болмасын. Ал сулыўлығыңыз сырлы болған ишки дүньяңыздан, яғный жумсақ ҳәм тыныш болған жоғалмайтуғын руўхый гөззаллықтан ибарат болсын. Бул Қудай алдында жүдә қымбатлы.
Егер ҳаял күйеўине оның руўхый жағдайынан ғәрезсиз бойсынса, онда ҳақыйқаттан да қорқыныштан азат болады. Себеби ол жүз берген жағдайды да, күйеўин де ақырында басқаратуғын Қудайға исенди.
Сьюзан Хант өзиниң «
Мен бойсыныўдың зәрүрлигин логикалық дәлийллей алмайман. Аспандағы уллылықты бизлерге сыйлаў ушын Ийса аспанның барлық уллылығы ҳәм сулыўлығын таслағанының себебин түсиндириў керек болғанда логика улыўма ҳәлсиз. Бойсыныў логиканың шегине жазылмайды, бойсыныўдың негизи-сүйиспеншиликте.
Ийса бизлерди соншелли сүйгенликтен, атанаққа Өз ерки менен барды. Оның ўәсияты мынадай: ҳаяллар өзлериниң күйеўлерине бойсыныўы керек. Бул сыйды бизлер өз еркимиз бенен сүйикли Қутқарыўшымызға бойсынып сүйиўди ўәде еткен еркекке бере аламыз. <…>
Қудай еркекке жәрдемши керек деп айтты. Ҳақыйқый ҳаял бул хызметке қуўанады ҳәм өзиниң күйеўине қарсы болмайды, ал қоллайды, оған манипуляция ислеўге ҳәрекет етпейди, ал оған рейими келеди, оның қарсыласы емес, ал сериги болады. Ол көз-көреки емес, ал шын жүректен бойсынады.
Ҳақыйқый ҳаял бойсыныўдан қорқпайды. Ол өз еркин қорғамайды, жағдайды басқарыўға ҳәрекет етпейди. Оның қорқынышы оған Қудай болып ҳәм онда болатуғын Масихтың ўәдесиниң нурында жоқ болады. Бойсыныў-тек Қудай Ийемиздиң шексиз күшине оның исениминиң көриниўи. Бойсыныў-бул оның өтелгениниң дәлийли.
Егер мениң күйеўим ҳәлсиз болса, онда мен басламаны өз қолыма алыўым керек, болмаса бизлер усылай бир орында тура беремиз
Бизлер ҳаяллардан қандай өтирикке исенгенин сорағанымызда, өтириктиң бул түри дизимде үшинши болды. Ҳәлсиз еркеклер түңилмейтуғын ҳаялдың өзи болмаса керек. Және де бул жаңалық емес. Бул да Едем бағында жүз берди:
Ҳаял ағаштың қасына барып, жемисиниң жеўге жақсы ҳәм көз тартарлық сулыў екенин және өзин ақыллы етиўге қызықтырып турғанын көрип, жемисти алып, жеди.
Бул үзинди мениң қыялымда қорқынышлы сүўретти соғады. Ерли-зайыплылар бирге Едемде сейил етип жүр. Жылан оларға жақынлады, күйеўин писент етпей, Қудай ҳаялдың үстине күйеўин қойғанын ҳәм екеўи де Қудайдың бийлигинде екенин билгенликтен дәл ҳаял менен сөйлесиўди баслады. (Шайтан туўры ҳаялға мирәжат етип Қудайдың тәртибин бузыўға ҳәрекет еткенин есте тутың). Шайтан гәпти сораўдан баслады: «Расында да Қудай: «Бағдағы ҳеш бир теректен жемең», — деп айтты ма?» (Жарат 3:1).
Бул жерде ҳаял нени ислемейтуғынына дыққат аўдарың. Ол қасында турған өзиниң күйеўи ҳаққында еслемейди. Ол Жыланға: «Мен сени күйеўим менен таныстырғым келеди», — деп айтқан жоқ. Ол күйеўине бурылып: «Сүйиклим, сен бул ҳаққында не ойлайсаң?» ямаса «Адам-ата, бәлким сен Қудайдың өзиңе не айтқанын оған айтарсаң» — деп сорамады. Ол Жылан менен қасында күйеўи жоқтай сөйлесиўди даўам етип атыр.
Кейин таңлаўдың алдында турып, ол ҳәммесин өзиниң қолына алады. Ол күйеўи менен ойласпайды, оның пикирин сорамайды, ол әпиўайы ҳәрекет етеди: «…оның жемисин алды ҳәм жеди…» (Жарат 3:6).
Ал, Адам-ата бул ўақытта не иследи? Ол көпшилик ҳаяллардың сөзи бойынша өзлериниң күйеўлери бәрҳа ислейтуғынды иследи:
Қудай еркекти биринши жаратты ҳәм оның мойнына қорғаўы астында турғанларды
Бирақ ким басшы ҳәм бул ўақыяда ким кимди бағып атыр? Еркек емес, ал ҳаял. Ал ким қабыллайды? Еркек емес, ал ҳаял. Бул жерде бир нәрсе надурыс. Ҳәм сол ўақыттан баслап бундай тәртипти бузыў биринши шаңарақ жубының балалары ҳәм қызларының өмиринде жүз береди. Бул орны өзгертилген роллер, еркек ҳәм ҳаяллардың қарым-қатнасына тән гүна ислеўден кейин болды.
Едемдеги сол ақыры жаман күннен баслап, ҳаялларда жеңе алмайтуғын еркеклерди қадағалаўды, оларды басқарыўды ямаса ғәрезсиз болыўды қәлеў пайда болды. Бизлер ҳәммесин өз қолымызға алыўға, инициатива көрсетиўге бейимбиз, бирақ тәғдирдиң тамашасы бойынша бизлер сондай-ақ әпиўайы қабыллаўды ҳәм жуўап бериўди еркек не болса да қабыллағанын қәлеймиз, — Қудай бизлерди усындай етип жаратты.
Адам-ата ҳәм Ҳаўа-енениң ўақыясындай, бизлер бул машқалада ерксиз бир-биримизди айыплаймыз. Бизлер дәрриў барлық айыпты ҳәлсиз еркеклерге аўдарамыз ҳәм егер олар жеделлирек болғанында, егер
Көп жыллардан бери ҳаяллар дәл ҳәлсизлиги еркеклердиң оларды өз бетинше ҳәрекет етиўине «мәжбүрледи» деп тастыйықлайды:
• «Мениң күйеўим ислемейди. Егер мен жумыс таппағанымда, бизлер аштан өлер едик».
• «Егер мен күйеўиме қаржы сораўын шешиўге рухсат етсем, ол бизлердиң шаңарағымызды гедейлениўге дейин алып барады».
• «Ол балаларымыздың тәрбиясында қатнасыўды қәлемейди. Егер мен оларды жазалап ҳәм дурыс ислеўге мәжбүрлемегенимде, олар қолымнан шығып кеткен болар еди».
Мен өзимди жетерли дәрежеде актив адамман ҳәм айырым еркеклердиң анық ҳәлсиз ҳәм ҳеш нәрсе ислеўди қәлемейтуғынын билемен. Көп жыллар бойы мен түрли жыйналысларда болдым. Онда исениўши еркеклер де болды ҳәм олар жетерли исенимде болмағанда маған араласпаўға ҳәм инициативаны өз қолыма алыўда тилимди тислеўге туўра келди (маған көрингендей).
Бирақ, еркеклер ҳәм ҳаяллардың қарым-қатнасын гүзетип ҳәм бундай жағдайларда жеке қылмысларымыздың ақыбетин ақыл менен баҳаласақ, мен: бизлер, ҳаяллар, еркеклерге актив болыўға кесент етип, Қудайдың оларды ҳәрекет етиўге оятыўын күтпестен өзлеримиз ҳәрекет етип оларды инициативлиликтен айырмаймыз ба екен? — деп ойлайман. Еркеклерден турып, бизлерди алып барыўды қәлеўин алыў сондай жеңил. Қосымша, олар иске кирискен ўақытта да ҳаяллардан жигерлендириў ҳәм қоллаўды, оларды дүзетиўди ямаса өзимиз жақсы ислеген болар едик деп айтыўын күтеди.
Бир еркек көп жыллар алдын, тойынан кейин дәрриў, ҳаялынан бирге дуўа етиўин илтимас еткенин айтып бергени мениң есимде. Олар дуўа етип болғаннан кейин, ол оның дуўа еткенин критикалай баслады. Жыллар өткеннен кейин оның күйеўиниң: «Бул бизиң соңғы биргеликтеги дуўамыз» — деп айтқаны таң қаларлы емес. Ол өзиниң еркеклик басламасының қабылланбағанын көтере алмады. Тек көп жыллардан кейин Қудай оның жүрегин жақсылық пенен жаңалады ҳәм ол өзиниң ҳаялын дуўада алып жүриўге бел байлады.
Ҳақыйқат мынадай, көпшилик жағдайда ҳаяллар инициативаны көрсетип баслағанда, еркеклер тек жақын турып, гүзетиўге келиседи. Элизабет Райс Хэндфордтың сөзи бойынша,
…көпшилик еркеклер «сахналарды» жек көреди. Олар албыраў ҳәм тәртипсизликти көтере алмайды. Олар үйинде тек тынышлық болыўы ушын неге болса да барады. Олар тек ғана тартысып, урыспаў ушын ҳаялына өзи қәлегенше ҳәммесин ислеўине жол қояды. Бирақ, бул тынышлық ушын төлем-олардың жеке еркеклиги. Күйеўиң шаңарақтың басы ролин орынламай атырғанына шағым етиўден алдын, дыққат пенен өзиңиздиң жүрегиңизди тексериң. Сиз күйеўиңиздиң пикирине исенесиз бе? Оның шешимлерине бойсыныўға таярсыз ба? Егер яқ болса, ол инициатива көрсетпеди деп наразы болмаң. Парахатшылық ҳәм тынышлық ушын ол өзиниң абройы ушын гүреспейди.
Еки орынлықта бирден отырыў мүмкин емес. Ҳәммесин тәртип астында услап ҳәм соның менен еркеклер актив болып, инициативаны өз қолына алады ҳәм «руўхый жетекшилерге» айналады деп надурыс исленген.
Айырым ўақытлары мен өзиниң күйеўиниң ҳәлсизлигинен қапа болған ҳаяллардан: «Егер сизлер араласып, өзлигиңизден ҳәрекет етиўди басламасаңыз не?» — деп сорайман. Сизлерге ол излемегени ушын жумыс излеў керектей көрине ме? Ол аш болғанда, дәрриў жумыс ислеп баслайды! Сизлерге, қаржы өзиңиздиң қолыңызда болыўы керек, себеби ол ақшаларды саўып билмейтуғындай көрине ме? Бәлким, ол сизлерди гедейликке алып келер. Бирақ, Қудай тек усылай бул машқалаға оның дыққатын тартып ҳәм оны өзгерте алыўы мүмкин. Сизлер олардың қәтелесиўине жол қойыўыңыз керек ҳәм усының менен ақыбетинде сизиң қәўипсизлигиңизди күйеўиңиз емес, ал ҳеш ўақта сизди уятқа қалдырмайтуғын уллы Қудай тәмийинлей алады.
Мухаддес Китапта Сара-өзиниң күйеўин ҳүрмет ететуғын ҳәм қулақ асатуғын ҳаялдың үлгиси. Бирақ, солай болса да, бир күни оған Қудай жүдә асықпай атырғандай көринди, ол қапқанға түсти ҳәм шешимди өзинше табыўға ҳәрекет етти. Он жыл алдын Қудай оның күйеўи Ибрайымға урпағы көп ҳәм олар үлкен халық болатуғынын ўәде етти. Енди ол жетпис алты жаста, ал балалар болса еле болмады. Күтиўден шаршап, ол не болса да ислеў керек деп шешти ҳәм күйеўи не болса да ислеўи ушын оны езди:
Оның Мысырлы Ажар деген шорысы бар еди. Сара Ибрайымға: «Мен саған бала туўып бере алмайман, бәлким мениң шорым туўып берер, сонда мен сол балаларды өзимдики деп санайман. Оны ҳаяллыққа ал» — деди.
Сара туўмайтуғын ҳаял шорыларының бири арқалы балалы болыўдай ески дәстүрлерден пайдаланыўды шешти. Алдын Сараның жобасы әўметли көринди — Ажар тез арада көтерди. Бирақ, жүдә тез жағдай өзгерди, баласыз ҳаял ҳәм бала күтип атырған шорының қатнасы шыдап болмайтуғындай болды ҳәм Сара және Ибрайымға мүрәжат етти: «Мениң қапашылығымда сен айыплысаң…», — деп айтты (Жарат 16:5).
Он үш жылдан кейин Сара тоқсан жаста болғанда, Қудай және оларға, Ибрайым ҳәм оның ҳаялына Өзиниң баласын бериўге келди. Исақ қартайған ерли-зайыпқа, сондай-ақ, келешектеги әўладтағы барлық адамларға уллы жарылқаў алып келиўи керек еди. Бирақ, Ибрайым ҳәм Ажардан туўылған бала Исмайыл бәрҳа ата-аналарының урысының себепшиси болды. Көбинесе Сара өзиниң өтмишине қарап: «Неге мен Қудайды күтпедим? Неге мен исти өз қолыма алдым», — деп өкинетуғын еди.
Бизлер машқаланы өзимиз шеше аламыз ҳәм тез нәтийжеге ерисе аламыз. Бирақ ақыр-ақыбет бизлер бәринен бос қаламыз, қәўипли қылмысты ислеўге бизлерди ийтергенлерди жек көрип ҳәм айыплаймыз.
Бизлерди қоршап турған еркеклерди басқарыўды қәлеўден бизлерди не азат ете алады? Бизлер
Қудайға үмитиңди арт, мәрт бол ҳәм сениң жүрегиң беккемленсин ҳәм Қудайға үмитиңди арт.
Душпан бизлерди бундай, бизлердикиндей үмитсиз сыяқлы көринген жағдайда «дурыс» шығыў жоқлығына исениўге мәжбүр етеди. Бул өтирик пүтин «бузылған некениң мәдениятын» пайда етти.
Аўа, неке-аўыр ис, ал жақсы неке оннан да аўыр. Еркеклер ҳәм ҳаяллар улыўма басқаша болғаны себепли қәлеген неке-бул өзиниң тәбияты бойынша өзин ойлайтуғын еки адамның бирлигин айтпағанда барлық ерли-зайыплар қандай да мәнисте бир-бирине «туўры келмейди». Бир үйде жасайтуғын адамлар, ўақты-ўақты менен бир-бирине рейимсиз, бир-бирине аўырыў келтиретуғын болады, олардың арасында айырым ўақытлары түсинбеўшилик пайда болады, олар бәрҳа бир-бириниң мүтәжин қанаатландырмайды. Турмыс қурып ҳәм «узақ ҳәм бахытлы жасаў» тек ертеклерде болады. Ҳеш қашан Жаратылыс Китабының 3-бабында сүўретленген күннен бери жерде идеал неке сыяқлы көринис болған жоқ.
Ашық болғанлар той мәресиминде «аўа» деп айтыўдан, Жылан өзиниң көрксиз басын көтереди ҳәм бул некени бузыўды баслайды. Ол ҳәр бир ажырасыў — бул Қудайға ҳәм қудайлық қутқарылыўдың жердеги образына ҳүжим екенин биледи. Той мәресими тамам болмастан алдын Душпан жас ерли-зайыплылардың жүрегине өтириктиң туқымларын егиўге мүмкиншиликти излеп баслайды.
Өтирик көбинесе тез таўып, бас тартатуғындай анық ҳәм ашық емес өтириктен басланады. Ол ярым ҳақыйқатлықтан, ярым өтирик пенен аралас басланады. Ол растай көринген ойлар ҳәм ҳақыйқатлықтай көринген сезимлер менен белгисиз пайда болады.
Демек, сизиң жаңа болған күйеўиңиз, сизиң танысқан күниңизди умытады. Ямаса ол…
• Ушырасыўға бир саат кеш келеди ҳәм қоңыраў қылыўды умытады.
• Сиз бенен алдын ойласпастан, екеўиңизди ибадатханадағы балаларға еркли хызмет етиўге жазады.
• Рождествоны жақынларыңыз бенен өткериўге үмит еткениңизде, өзиниң ата-анасына Рождествода оларға баратуғынына ўәде береди.
• Ямаса мүмкин болған «қорлаўлардан» мыңнан бирин келтиреди.
Кеширим ҳәм өзиниң қарсылығынан бас тартыўдың орнына өкпелеп жүриў, ўақты менен өсетуғын өтирик алдында ҳәлсиз болыўды аңлатады.
• Ол бәрҳа тек өзин ойлайды.
• Мени қапа қылғаны, оны ойландырмайды.
• Оның менен жасаў мүмкин емес.
• Ол ҳеш қашан өзгермейди.
• (жумыста ямаса ибадатханадағы қандай да еркек) ғамхор ҳәм мүләйимлирек. Ол өзиниң ҳаялы менен бундай қатнаста болмайды.
• Бизлердиң некемизди қутқарыў мүмкин емес.
• Мен турмысқа шыққанымда бахытлырақ болар едим (басқа еркек).
• Егер мениң күйеўим мени сүймесе ҳәм ҳүрметлемесе, мен оннан кетиўге ҳақлыман.
• Айырым ўақытлары еки адамның жасаўы мүмкин емес — бизлер бир-биримиз ушын жаратылмағанымыз көринип тур.
• Бахытсыз некеде қалғанымнан гөре мениң ажырасқаным жақсырақ.
• Менде таңлаў жоқ. Мен оның менен жасай алмайман.
Усы сценарий бойынша ҳаял өзин күйеўиниң толық (ямаса көбирек бөлеги) айыплы екенине исендиреди. Ол оның мүтәжликлерине ҳәм өзиниң надурыслығын соқыр, ямаса өзиникине қарағанда оның айыбына көбирек дыққат аўдарады. Ол өзиниң айыбын телескоп, ал күйеўиниң айыбын микроскоп арқалы көреди. Ол өзин гүналар ҳәм күйеўиниң Қудайдың жарылқаўларына мүтәж екенин мойынламайды.
Буннан тысқары, оның өмири жеке өзиниң айналасына туўрыланған — ол тек өзиниң бахыты ҳәм өкпеси ҳаққында ойлайды. Ол күйеўи менен жарасыў ҳәм олардың биргеликтеги өмирин Қудайдың жарықландырыўынан гөре өзиниң машқаласының шешилиўи ҳәм өзиниң мүтәжликлерин қанаатландырыўына ғам шегеди. Ол өзиниң күйеўи менен Қудайдың жарылқаўларының булағы бола алатуғынын көрмейди ямаса буған нырқ төлегиси келмейди.
Ең баслысы, ол жүз берип атырғаннан Қудайды шығарып таслады. Ол некениң Қудайдың белгиленген мақсети менен жаратылғанын түсинбейди. Ол және де, Қудай Өзиниң мақсетлерине күйеўиниң машқалаларын ҳәм кемшиликлерин пайдаланыўы мүмкин екенин түсинбейди. Ол оның өзин ҳәм күйеўин өзгерте алатуғын, некесин баҳалы ҳәм әжайып нәрсеге айналдыра алатуғын Қудайдың тәбияттан тыс күшине исениўге ҳәрекет етпейди. Ажырасыўға талпынып, Қудайдың некениң әҳмийетли ўәдеси ҳәм олардың бузылыўы ҳаққында пикирине қарағанда, ол өзиниң жеке бахытын ҳәм әўметин жоқары қояды.
Бундай түрдеги адасыў Анетти төмендеги шешимге келиўге мәжбүрледи:
Жыллар бойы жыйналған аўырыўларды Қудайдың усыллары менен жеңиўге болады, болмаса адам ҳеш исенбеген нәрсесин ақлай баслайды ҳәм ҳеш қашан разы болмаған шешимин қабыллайды. Кейин адамның жүреги ғәзепленеди, ол үмитин жоғалтады демек, душпанның қапқанына түседи, оның өтиригиниң торында шатасады.
Бул жаман дөңгелекти үзиўдиң ҳәм азатлыққа ерисиўдиң жалғыз усылы — ақылың ҳәм сезимлериңнен үстин турған өтириктен бас тартыў ҳәм оған Қудайдың Сөзинде ашылған ҳақыйқатлыққа қарсы қойыў. Мине ол:
• Қудайдың шыпалай алмайтуғын некеси жоқ. Қудайдың өзгерте алмайтуғын адамы жоқ.
• Некениң баслы мақсети бахытлы болыўда емес. Ал Қудайды алғыслаўда ҳәм Оның қутқарыўшы сүйиспеншилигин сәўлелендириў.
• Қудай «өткир мүйешлерди» күйеўимизди өзгертип ҳәм оны Масихқа уқсатыўға қолланады. Күйеўиңиздиң ҳәлсизликлери сизге жақсы ҳаял болыўға жәрдем беретуғын Қудайдың қолындағы қурал бола алады.
• Ҳақыйқый сүйиспеншилик — Қудайдың сүйиспеншилиги — шексиз ҳәм ҳеш қашан таўсылмайды. Бизлер өзлеримиз, Қудайдың жәрдемисиз ҳақыйқатлықтан сүйе алмаймыз. Бирақ Қудай бизлердиң жүрегимиз бенен қәлеген адамды сүйе алады, егер бизлер Оған рухсат етсек. Сүйиспеншилик — бул сезим емес, ал басқаның пайдасына ҳәрекет етиў шешими. Қудайдың мийрими менен бизлер егер оған жыллы сезим болмаса да, ол адамды сүйиўди үйрене аламыз.
• Неке — бул келисим. Бизиң Қудайымыз-келисим Қудайы. Ол Израил алдында руўхый Өзине қыянет етип ҳәм өзиниң «ойнасларының изинен жүргенине» (Ерем 11:10; Езекил 20:16; Ос 2:13 — қа қараң) қарамастан өзиниң ўәдесин орынлады. Егер бизлер Оған садық болмасақ та Ийемиз Ийса Өзиниң Қалыңлығы — Ибадатхана алдында ўәдесинде турады. Ол Өзиниң ўәдесине садық болғанлықтан, бизлер де Қудай ҳәм Оның халқы арасында қутқарыўшы келисим сүўретленгендей ойланған неке келисимин бузбаўымыз керек.
• Қудай бизлерге бәрҳа кешириўди буйырды.
• Сизиң садықлығыңыз ҳәм күйеўиңизди қурбанлық сүйиспеншилик пенен сүйиўге талпыныўыңыз оның руўхый шыпаланыўына жәрдем бериўи мүмкин. Дәл солай Масихтың азаплары бизлерди шыпалады (Петрдиң 1-х 2:24-25; Коринф 1-х 7:12-14 — қа қараң).
• Сизиң машқалаңыз шешилмейди, егер сизлер күйеўиңизди басқасына алмастырсаңыз (статистика бойынша қайталанған некелер бириншисине қарағанда жийи тамамланады).
• Күйеўиңизге садықлық сүйиспеншилик сақлаўға ҳәм оны шексиз кешириў ушын Қудайдың жарылқаўы жетерли.
• Қудай ҳеш ўақытта бизлерди таслап кетпейди. Сизиң өмириңиздиң жағдайынан ғәрезсиз, Ол қасыңызда турады ҳәм сизди жақтыға шығарады.
• Бәлким, бул өмирде сизлер садықлық ушын сый алмаған шығарсыз, ол сизди тек мәңгиликте күтеди. Бирақ садықлық бәрибир сыйлықланады ҳәм буны күтиў керек.
Бир неше жыл алдын бир ҳаял конференцияда шығып сөйлегеннен кейин маған хат берди. Биринши қатар мынаны айтады:
Оның изинде бир неше дара сөзлер, ҳәр бири таза қатардан, бул ҳаялдың тәсирли ўақыясын айтқан. Ол өзиниң өтириктен ҳақыйқатлыққа, қуллықтан азатлыққа жолын излеп тапқаны ҳаққында:
Душпан шаңарақ түйининиң қорқытатуғын ҳәм ийтермелейтуғын нәрсеге айналдырды. Оның өтириги жүдә тәсирли болып шықты, оған дәлийил-бузылған сансыз шаңарақлар ҳәм азапланған тәғдирлер. Тек ҳақыйқатлық қутқарып, тиклеп ҳәм сизиң некеңизди жаңарта алады.
ӨТИРИК
21. БАХЫТ УШЫН МАҒАН КҮЙЕЎ КЕРЕК
ҲАҚЫЙҚАТ
• Бахыт некеде емес (ҳәм некеден сыртта емес)
• Мениң терең мүтәжликлеримди қандыра алатуғын бирде адам жоқ.
• Қудайдан басқа ҳеш ким ҳәм ҳеш нәрсе мени ҳақыйқатлықтан бахытлы қыла алмайды.
• Қудай маған кереклиниң ҳәммеси ҳаққында ғам шегетуғынын ўәде етти. Егер мениң некем Қудайды алғыслайтуғын болса, онда Ол маған күйеў береди.
• Қудайдан үмит ететуғынлар, Оннан бәрҳа жақсысын алады. Ал өзиникинде турып алатуғынларда тек кеўил қалыў қалады.
ӨТИРИК
22. МЕН КҮЙЕЎИМДИ ӨЗГЕРТИЎИМ КЕРЕК
ҲАҚЫЙҚАТ
• Жақсы өмир ҳәм дуўа — күйеўине тәсир етиўдиң тийкарғы усылы.
• Өзиң ислеўге ҳәрекет етиўдиң орнына, күйеўиңди өзгертиўи ушын Қудайды шақырыў тәсирлирек.
ӨТИРИК
23. КҮЙЕЎИМ МАҒАН ХЫЗМЕТ ЕТИЎИ КЕРЕК
ҲАҚЫЙҚАТ
• Маған хызмет етиўин күтсем, онда әлбетте кеўлим қалады.
• Егер мен орнына ҳеш нәрсе күтпей басқаларға хызмет етиўге талпынсам, онда ҳеш қашан кеўлим қалмайды.
• Қудай ҳаялды еркекке жәрдемши қылып жаратты, ал керисинше емес.
• Бизлер басқаларға хызмет еткенимизде, бизлер Масихтың образына өзгеремиз.
ӨТИРИК
24. ЕГЕР МЕН КҮЙЕЎИМЕ БОЙСЫНСАМ ОНДА МЕН БАХЫТСЫЗ БОЛАМАН
ҲАҚЫЙҚАТ
• Бойсыныў маған қолында «патшаның жүреги» бар Қудайдың қорғаўын береди. Мен күйеўимниң бийлиги астынан шықсам, душпан алдында ҳәлсиз болып қаламан.
• Мениң Қудайдан берилген бийликке бойсыныўды қәлеўим — Қудайды ҳүрметлеўдиң жақсы усылы.
• Ҳүрметленетуғын бойсыныў — Қудайдың алдында жүрмейтуғын күйеўге уллы тәсир етиўши күш.
• Ҳаялының күйеўиниң бийлигине бойсыныўы Ибадатхананың Ийемиз Ийсаға бойсыныўын көрсетиўи керек.
ӨТИРИК
25. ЕГЕР МЕНИҢ КҮЙЕЎИМ ҲӘЛСИЗ БОЛСА, ОНДА МЕН ИНИЦИАТИВАНЫ ӨЗ ҚОЛЫМА АЛАМАН, БОЛМАСА БИЗЛЕР БИР ОРЫНДА ТУРАМЫЗ.
ҲАҚЫЙҚАТ
• Қудай еркектиң инициатива көрсетиўин, ал ҳаялдың — оған жуўап бериўин қәлейди.
• Қудай күйеўиниң ҳәрекет етиўге оятыўын күтпей ҳаял ҳәммесин өз қолына алса, онда күйеўи инициативалы болмайды.
ӨТИРИК
26. АЙЫРЫМ ЎАҚЫТЛАРЫ НЕКЕДЕ БАХЫТСЫЗ ЖАСАҒАНҒА ҚАРАҒАНДА АЖЫРАСҚАН ЖАҚСЫ
ҲАҚЫЙҚАТ
• Неке — бул өмириңниң ақырына дейин келисим, бул Қудайдың Өзиниң келисимине садықлығының белгиси. Өзиниң адамлар менен келисиминде ҳәм бизлер өзлеримиздиң некелик келисимимизде садық болыўымыз керек.
• Қудай шыпалай алмайтуғын неке жоқ. Қудай өзгерте алмайтуғын адам жоқ.
• Қудай «өткир мүйешлерди» күйеўимизди өзгертип ҳәм оны Масихқа уқсатыўда қоланады.
• Күйеўиңизге садықлық, сүйиспеншилик сақлаўға ҳәм оны шексиз кешириў ушын Қудайдың жарылқаўы жетерли.
1. Қудай менен КЕЛИСИҢ.
Өзиңиз ҳаққында қандай өтирикке исендиңиз?
2. Жуўапкершиликти өзиңизге АЛЫҢ.
Бул өтирикке исениў сизиң жасаў образыңызға қалай тәсир етти (сизиң қатнасыңыз ҳәм ҳәрекетиңиз)?
3. Ҳақыйқатты ЖӘРИЯЛАҢ.
Төменде келтирилген ҳақыйқатлықтың ҳәр бирин даўыслап оқың. Усылардың қайсысы ҳәзир сиз ушын айрықша әҳмийетли?
Өзиңиздиң ақылыңызды Қудайдың Сөзи менен жаңартың. Даўыслап келеси үзиндилерди оқың. Бул аятлар улыўма Қудайлық түсиникте неке ҳәм ҳаялдың роли ҳаққында не айтады?
Марк 10:6-9
Нақ.мақ 31:10-12
Ефес 5:22-24, 32-33
Петрдиң 1-хаты 3:1-6
4. Ҳақыйқат тийкарында ҲӘРЕКЕТ ЕТИҢ.
Өмириңиз ҳақыйқатлыққа туўра келиўи ушын қандай адым атыўыңыз керек?
5. Ҳақыйқатта жүриўиңиз ушын Қудайдан жәрдем СОРАҢ.
ЖЕТИНШИ БАП
ҲАЯЛЛАР ИСЕНЕТУҒЫН ӨТИРИК…
…БАЛАЛАР ҲАҚҚЫНДА
Ананың жүреги-бул үлкен қуўаныш ҳәм ең жаўыз кеўил қалыўлар ҳәм аўырыўлар ғәзийнеси. Әҳмийети жоқ, баласы үлкен спортта жарқырай ма ямаса жақсы жүретуғын жағдайда болмаса да, жыллар бойы ақыллы ма ямаса раўажланыўда артта қала ма, ол ири кәрхананың ҳүрметли директоры бола ма ямаса сүйегине сиңген жынаятшы болса да, ана ҳеш ўақыт үмитленип, әрман етиўден ҳәм қашанлардур бесикте шайқаған баласы ушын ғам шегиўди тоқтатпайды.
Дәл сол, ең мүләйим инсанлық қатнасық — өзиңниң денеңе ҳәм ңаныңа сүйиспеншилик ҳаялдың өмиринде ең ҳәлсиз тараў. Ҳәмме жерде болғандай, бул жерде де шайтан ҳаялға балалары ҳәм ана роли ҳаққында өтирик исенимлердиң пүтин арсеналы бар.
Бул өтирикке исендирип. Шайтан тек аналарды қул етиўге урынып қоймастан, бирақ ҳақыйқатлықты билмеўи ҳәм өзинде азат ететуғын күшти өткермеўи ушын бул өтирикти келеси әўладқа да береди.
Бул бапта бизлер сизлердиң дыққатыңызды масихый дүньяда көп таралған бир неше өтирик исенимлерге ҳәм «ярым исенимлерге» алжастыратуғынына қаратыўды қәлеймиз. Бул исендириўлер масихый шаңарақларда көплеген машқалаларды туўдырды. Егер бизлер исенимде беккемленип бул өтирикти шығармасақ ҳәм оннан бас тартпасақ, онда ҳәр бир киятырған әўладта ол қар үйиндиси сыяқлы өседи.
Бүгин азанда маған басқа штаттан достым қоңыраў қылып төртинши баласын күтип атырғанын хабарлады. Олар күйеўи менен бул жаңалыққа қуўанышлы, бирақ олардың энтузиазмына ҳәмме қосылмайтуғынын көрди. «Билесең бе, — деди, ол ең кескин сөзлерди мен басқа жерден емес, ал бизиң ибадатханада еситтим!».
Ол жаман шақырықлар айырым ўақытлары өзин гүманлыныўға мәжбүр ететуғынын мойынлады: «Бәлким, мен қандай да басы ислемейтуғын шығарман?».
Қудай — Жаратыўшы ҳәм Өмирдиң Жаратыўшысы. Қудай душпаны болған шайтанның өмирди жаман көретуғыны таң қаларлы емес. Ол бәрҳа оны жоқ қылыўға ҳәрекет етти. Олардың Қудайдың ўәде еткениндей өлетуғынын билсе де, ол Адам-ата ҳәм Ҳаўа-енени қадаған етилген жемисти жеўине исендирди. Адам-ата ҳәм Ҳаўа-енеде еки ул туўылды, шайтан ажағасына инисин өлтириў ҳаққында ой берди.
Шайтан уры, бул ҳаққында Ийса былай деди; ол «тек урлаў,
Соның ушын шайтан балалардың туўылыўына ҳеш қашан қуўанбайды. Ҳәр бир туўылып атырған бала келешекте Қудайдың жарылқаўын қабыллап ҳәм қудайдың Патшалығына қараслы болып, оның жобасын шатастырыўы мүмкин. Соның ушын ҳаялдың бала көриўине кесент бериў ушын ҳәмме нәрсе исленеди, — мысалы, олар Қудайдан берилген көтериў, туўыўы ҳәм өмирин қорғаўға арналғанын орынлаўды қәлемейди береди.
Бала алдырыў, бала өлтириў ҳәм гомосексуализм — мине бизиң мәдениятымызда қабылланған ҳәм әдетке де айналған өмирди бузыўдың тек айырым мысаллары. Мухаддес Китапқа исенетуғын масихыйлар шайтанның бул ислеринен дәрриў бас тартты. Бирақ хош хабарлық өмир, соның менен бир қатарда көплеген белгили «өмирди қорғаўшылар» бул сораўдың басқа аспектлери ҳаққында сөз болғанда өзиниң көз-қарасын қорғай алмайды ҳәм жүклиликтиң алдын алыўға қарсы ҳеш нәрсеге ийе емес.
Феминистлердиң идеологиясының фундаментли тастыйықлаўлардың бири бәрҳа ҳаял бала туўыўды ҳәм егер аўа болса қашан ҳәм нешеў екенин өзи шешиўге ҳақылы. 60-70 жыллардың белгили феминист жазыўшысы Суламифь Файрстоун буны былай сапластырды: «Ҳаялдың шаршаўының ҳәм ериншеклигиниң тамыры — балаларды туўыў ҳәм тәрбиялаў ўазыйпасы».
Масихый өмир бул концепция менен ерксиз келисти, ал сонлықтан контрацепция тазалаў ҳәм «шаңарақты жобаластырыў» әдетеги ис болды. Нәтийжеде миллионлаған масихый-ҳаяллар ҳәм масихый жуплар өзлери түсинбей, шайтанның балалардың туўылыўын шеклеўге ҳәм усылай етип өмирге зыян етиўине талпынысының жәрдемшиси болды.
Бул ҳаққында Мэри Прайд өзиниң тәсирли «
Шаңарақты жобаластырыў-аборттың анасы. Аборт модаға айналмастан алдын, пүткил әўладтағы адамларға, өзиниң жағдайына қарай балалардың туўылыўының ўақтын ҳәм санын жобаластырыў зәрүр екенине исендириў керек еди. Бизлер, заманагөй масихыйлар, абортқа қарсы даўыс көтеремиз ҳәм бул дурыс. Бирақ бизлер бул машқала менен, тек отыз жыл алдын басқа гүрестен утылғанымыз себепли гүресиўге мәжбүрмиз. Шаңарақлар өз қоларымыз бенен балаларды жараттық деп өзиниң қәлеўи бойынша «жобаластырыў» мүмкин екенин ойлағанынан баслап, адамлар улыўма инсанның өмирин баҳалаўды тоқтатты.
…Аборт — бул ҳәммесинен бурын сизиң жүрегиңиздиң жағдайы. «Мен әҳмийетлирекпен». «Мениң карьерам әҳмийетлирек». «Мениң абыройым әҳмийетлирек». «Мениң қолайлықларым әҳмийетлирек». «Мениң финанс жобаларым әҳмийетлирек» ҳ.т.б. Бирақ дәл усындай исенимлерде үш он жыллықтан бери бизиң ибадатхана ўаз ететуғын шаңарақты жобаластырыў тийкарында жатады!
Көпшилик адамлар, соның менен исениўшилер де, буның артында өзлериниң қорқынышлы, өзин ойлаўшылығы ҳәм инсанлық логика турғанын түсинбестен өзиниң шаңарағының өлшемин белгилейди.
• «Бизлер өзлеримизде және бир бала болыўына қалай жол қоя алмаймыз? Бизлер зорға айдың ақырына жеткеремиз. Олардың билим алыўына төлейтуғын ўақыт келгенде не болады?».
• «Мен физикалық тәрептен енди бала көтеретуғындай жағдайда емеспен. Маған екеўиде жетеди, мен әлле-қашан шаршадым».
• «Егер бизлерде және бала болса, күйеўим менен бирге бир-биримизге ўақыт қалмайды».
• «Мениң достым (ямаса ата-аналарым), егер бизлерде балалар көп болса, бизлерди басы ислемейди деп ойлайды».
• «Егер бизлерге неше бала кереклигин Қудайға белгилеўге жол қойсақ, онда бизлерде еки онлаған болар еди!».
Дүнья: «Балалар — бул аўыр», — деп айтады. Қудайдың сөзи: «Балалар — бул шаңарақ ушын жарылқаўлардың бири», — деп айтады. Ал бизлер еле аспанға қарап, дуўа етемиз: «Қудайым, бизлерге бундай жарылқаўды басқа жиберме!».
Дүнья: «Некениң мақсети сени бахытлы қылыўдан турады. Ал бул түсиникке балалар кирмеўи де мүмкин», — деп айтады. Қудайдың Сөзи керисинше, некениң ең әҳмийетли мақсетлериниң бири — Қудайдан қорқатуғын ҳәм ҳүрмет ететуғын балаларды туўыў ҳәм өсириў (Малахия 2:15 — қа қараң).
Тимофейге жазылған биринши хатта Павел бизлерге, балалардың туўылыўы әҳмийетли, тек ҳаял орынлай алатуғын Қудайдан берилген рол екенин еслетеди. Павел жас жесирлерге «некели болып, балалар туўып, үйди басқарып ҳәм душпанның жаман сөзлер айтыўына ҳеш қандай себеп бермеўин» айтады (Тимофей 1-х 5:14 — қа қараң). Екинши баптың соңғы аятында ол, ҳаял «бала туўыў арқалы қутқарылады, егер исенимде, сүйиспеншиликте, даналық пенен мухаддесликте болса» деп тастыйықлайды.
Әлбетте, бул ҳаял бала тек туўыў арқалы мәңгилик қутқарылыўға жетеди дегени емес. Бул аят Павелдиң Тимофейге хабарлағанындай грамматикалық структураға ийе (Тимофей 1-х 4:16): «Өзиңе ҳәм берип атырған тәлимиңе дыққат аўдар, усы ислериңди даўам ет. Усылай ислесең, өзиңди де, сени тыңлайтуғынларды да қутқарасаң».
Павел Тимофейдиң иси — ўаз ҳәм бул шақырыққа садықлығы ҳақыйқый тәўбе еткенин тастыйықлайды деп айтады. Ўаз айтыў — Тимофейдиң қутқарылыўының
Назаретли Мариям — бул оның жобасына кирмеген болса да, бала туўыўға таярлығына исенимин тастыйықлаған ҳаялдың әжайып үлгиси. Периште бала туўасаң деп жәриялағанында жас қыздың жүрегинде қандай наразылық болыўы мүмкин екенин бизлер тек тәҳмийин ете аламыз:
• Мен жүдә жаспан! Мен еле бала туўыўға таяр емеспен!
• Мен Юсуп ҳәм оның дослары менен ўақтымды бирге өткере алмайман, мениң үйде бала менен отырыўыма туўры келеди.
• Мен алдын жаңа үйимизге үйренисип алыўымды қәлеймен.
• Адамлар не дейди? Ҳеш ким мени түсинбейди!
• Бизлер еле өзимизге бала көриўимизге жол қоя алмаймыз. Юсуп өзиниң исин енди баслап атыр.
• Бала цезардың дизимнен өткериў ўақтында туўылады, ал бизлер басқа қалады болыўымыз керек!
Бирақ Мухаддес Жазыўда бундай ой ҳәм гүманларға бирде ишарат жоқ. Мариямның жуўабы әпиўайы болды: «Мен Жаратқан Ийемниң бендесимен,
Қудайдың шақырығына дәл усындай етип жуўап берген анам ушын Қудайға миннетдарман. Талантлы ҳәм көп нәрсени ўәде ететуғын қосықшы Нэнси Соссомон Арт Демоссты 19-жасында ушыратты ҳәм оның вокаллық карьерасы даўам ете алыўы ушын бес жылға шекем бала туўыўды тоқтатыўды қәледи. Бирақ, Қудайдың басқа нийетлери бар еди. Некесиниң биринши бес жылында Ол оларға алты бала берди. Усының менен бирге анам әкеме бизнесинде жәрдем берди. Усы жыллар даўамында анам Қудайдың берген балаларын, бир неше жылдан кейин туўылған жетиншисин де қуўаныш пенен қабыллады. Мен оннан ҳеш қашан тек бала көриўге ҳәм ана болыўға жаратылғаны ушын Қудайға миннетдаршылығынан басқа ҳеш қандай шағыс еситпедим.
Назаретли Мариям ҳәм мениң анам — бул ҳаяллар балаларды қабыллаған, оларға ўақыт ажыратқан ҳәм Өзиниң изинен ериўшилердиң ислегенин ислеўге шақырған Ийемиз Ийсаны алғыслайды.
Егер шайтан масихый шаңарақта бала туўылыўының алдын ала алмаса, ол өзиниң тәрбиясы ҳаққында өтирик көз-қарасларға исендириў ушын ҳәммесин ислейди. Ол бул жерде Ҳаўа-ене менен сөйлесиўиндеги тактиканы қолланды. Ол оны қадаған етилген жемисти жесе, әҳмийетли нәрсени билетуғынына исендирди: «…сизлер жеген күниңизде көзлериңиз ашылады ҳәм сизлер қудайдай жақсы ҳәм жаманды билетуғын боласыз» (Жарат 3:5). Шайтан ҳақ еди — Ҳаўа-ене жемисти жегенде оның көзлери ашылды (Жарат 3:7 — қа қараң); ол алдын билмеген-жаўызлықты билди. Бул билимниң ақыбети уялыў, айып ҳәм Қудайдан ҳәм күйеўинен айырылыў болды.
Қудай бизлердиң өзимиздиң тәжирийбемизде жаўызлықты билиўимизди қәлемеди. Ол бизлердиң «жақсылық ислеўде дана ҳәм жаманлық ислеўде сада» болыўымызды қәлейди (Рим 16:19 — қа қараң). Бирақ шайтан: «Сен ҳәммесиниң дәмин өзиң татып көриўиң керек», — дейди. Ол ата-аналарға: «Сизлердиң балаларыңыз ҳәммесин өзлери татып көриўи керек. Егер сизлер оларды ҳақыйқый өмирдин, өзинен не көрсететуғынын билдирмей усласаңыз, олар онда өзиниң орнын таба алмайды ҳәм тири қала алмайды».
Бирақ ҳақыйқатлық улыўма басқа нәрседен турады: ол «өзиниң орнын таба алатуғын» балаларды өсириў ямаса бул дүньяда әпиўайы «тири қалыў»дан турмайды. Ҳәр бир масихый шаңарақтың ўазыйпасы-Қудайды пүткил жүреги менен, пүткил жаны, пүткил күши ҳәм пүткил ақылы менен сүйетуғын, Ийемиз Ийса менен беккем қатнасты дүзетуғын ҳәм әтирапындағы қараңғылықты тесип өтетуғын өмири жарық балаларды өсириў. Масихый ата-аналар тек «жақсы» балаларды өсириўге ҳәрекет етип жасайтуғын, әдилликти жақсы көретуғын ҳәм жаманлықты жек көретуғын,
Мен Қудайға ата-анам ушын миннетдаршылық билдириўди тоқтатпайман. Олар бизлерди мухаддесликти сүйиўге ҳәм заманагөй мәденият бизлерге зыян келтиреди деп қорққаннан емес, Қудайға ҳүрмет ҳәм сүйиспеншилик пенен гүнаға жек көриўшилик сезиўге үйретти.
Олар бизлерди әжайып жеке ҳасылзада мектеплерге бериўи мүмкин еди, олар бизлердиң «сапалырақ» масихый мектепте оқыўымызды шешти. Айырымлары, бизлердиң жоқары дәрежедеги билимди алыўымыз кереклигин айтты, бирақ ата-анам «даналықтың басы — Қудайдан қорқыў» ҳәм Қудайдың Сөзиниң үйретиўлеринен басқа ҳеш нәрсе бизлерди өмирге жақсы таярлай алмайды деп есаплады.
Олар бизлердиң жас ақылымыз ҳәм жүрегимизди усы дүньяның тәсиринен қорғаў ушын анық қәдемлер кереклигин анық билетуғындай даналық берди ҳәм булар көпшилик заманагөй исениўши ата-аналар тыныш қарайтуғын нәрселер. Мысалы, бизлердиң дерлик ҳәр бир қатарларымыз қуўыршақ Барби менен ойнаған ўақытта, бизлер дерлик олар ҳаққында ҳеш нәрсе билмедик. Бизлердиң анамыз, егер кишкене қыз үлкен ҳаялға ылайықлы сәйкеслиги бар қуўыршақ пенен ойнаса, бул еркек ҳәм ҳаялдың физикалық айырмашылығына дурыс қатнасының өсиўине кесент етеди деп дана ойлады.
Мениң кишкене ўақтымда, бизиң жәмийетимиз көтерилис, қозғалаң ҳәм революцияның агониясына урылатуғын еди. Диссидентлер көшелерде жүрип ҳәм флагларды өртеп Вьетнамдағы урысқа қарсы шықты. Миллионлаған жас адамлар наркотиклерде, жынысый қатнаста ҳәм рок-намада шөкти. Жоқары Суд, ҳаяллардың аборт ислеўге ҳақысы бар деп қарар шығарды. Хрущев Бирлескен Мәмлекетлерди жоқ қыламан деп қорқытты. Бизлер бул ўақыялар ҳаққында билетуғын едик, бирақ кешки жаңалықлардан емес. Мениң ата-анам, айырым темалар баланың ақылы ушын емес дейтуғын еди ҳәм олар дүньяда жүз берип атырғанлар ҳаққында өзлери бизлердиң көз-қарасымызды сапластырыў кереклигин сезди.
Нәтийже? Мен «теплица» баласы болып өстим. Мектепти питиремен дегенше мен ҳеш бир әдепсиз сөз еситпедим. Мен танықлы күлки, фильм ямаса сол ўақыттағы теле дәстүрлердиң қаҳарманлары ҳаққында ҳеш нәрсе билмейтуғын едим.
Бирақ Қудайдың мийрими менен ҳәм дана ата-анамның тәсири арқалы мен өзимниң қатарымның көпшилиги билмегенлерди билетуғын едим. Мен жақсылық ҳәм жаманлық арасындағы айырмашылықты түсинетуғын едим. Мен Мухаддес Китапты жақсы билетуғын едим. Мухаддес Китапты үйде күнделикли оқыў ҳәм ибадатханадағы оқыўлардан басқа, мен Мухаддес Китапты басынан ақырына шекем үйрениўдиң еки курсын өттим (олар бизлердиң мектеп бағдарламасына киритилмеген еди). Мен Мухаддес Жазыўдағы үлкен үзиндилерди ядтан билетуғын, масихый исенимниң тийкарғы доктриналары менен таныс ҳәм куплетлери аз болмаған көплеген масихый гимнлерди ядтан билетуғын едим. Мен Хадсон Тэйлор, Джордж Мюллер, Уильям Карей ҳәм Глэдис сыяқлы көплеген ҳақыйқый қаҳарманлардың өмир баянын оқыдым.
Бирақ барлық «билимлерден» әҳмийетлиси мени қоллаған, мен дүньяға шығып ғәрезсиз өмиримди баслағанда үйимниң дийўаллары сыртында шешим қабыллаўға жәрдем берген Ийемиз Ийсаға исеним еди.
Мен буғын мақтанбайман, себеби бул жерде мениң үлесим жоқ, бул Қудайдың ҳәм ата-анамның балаларын тәрбиялаў ўазыйпасына кеўил берип қарағаны Қудай ушын өзлерине тапсырылған сыйы.
Олардың жеккелигиниң сапластырылыў барысы ўақтында ерте балалығында көретуғынларына балалар үйрениседи. Мен патриарх ҳәм елшилерге қарағанда рок-топарлар ҳәм кино жулдызларын жақсы билетуғын «жақсы» масихый шаңарақлардан жас адамларды билетуғын едим. Олар қәлеген атақлы қосықларды айтыўы мүмкин, бирақ исенимниң уллы гимнлерин билмейди. Мен тек бир шешим ислей аламан: олар балалығында көргенлерине ҳәм еситкенлерине ҳәўесленеди.
Егер бизлер балаларға нама еситиўге, фильм көриў, китап ҳәм журнал оқыў, ҳәммени ҳәм ҳәмме нәрсени «тарататуғын» көшедеги дослар менен гезиў, оларға жаман уят сөзлер айтыўға жол қойыў, еркин жынысый қатнас, көтерилис ҳәм зорлыққа рухсат етсек, онда кейин олар бул өмирдиң философиясын қабыллағанда таң қалыўдың кереги жоқ.
Ҳәзир, мен бул қатарды жазып атырғанда, көшеде 20 сантиметр тереңликте қар жатыр. Бундай ҳаўада жас мүләйим өсимликти егиў ҳәм оның қабылланып, тири қалыўы ҳеш кимниң басына келмейди. Бул ушын теплица бар, ол өсиў ушын жақсы шәрият тәмийинлеўимиз керек. Ал кейин, ҳаўа-райына қарсы турыў ушын өсимликтиң тамыры жетерли күшли болғанда, оны жерге отырғызыў мүмкин болады.
Мен он жети жаста болғанымда, ата-анам мени Бирлескен Штатлардың басқа шетине жоқары Қубла Калифорниядағы университетке оқыў ушын жиберди. Мен жақсы масихый шаңарақта жасадым, ал бул жерде менде тосаттан өмир бойы болмаған сонша еркинлик пайда болды. Мен қаяққа қәлесем, сол жерге барыўым ҳәм қәлегенимди ислей алатуғын едим. Бирақ мениң «қәлегеним» әлле-қашан сапластырылды, мен Қудайды жақсы көретуғын едим ҳәм Оған унайтуғынды ислеўди қәледим. Мен шешимди ата-анам не ойлайды деп қәўетерленбей қорқынышты қабылламадым, ал Қудайдың мухаддеслиги ҳәм сүйиспеншилигиниң барлығын сезгенимнен. Сол жыллары мен алдын қолым жетпеген түрли философиялық теорияны үйрендим. Бирақ Қудайдың Сөзине туўра келмейтуғыны мени қызықтырмады. Мен басқаша жасаған адамларды жақсы көретуғын едим ҳәм олардың Қудайға келгенин қәледим. Бирақ олардың жоллары маған унамайтуғын еди.
Мен өз көзим менен өз үйимде Қудайды шын жүректен сүйип ҳәм қуўаныш пенен Оның еркине бойсыныў — қандай жарылқаў. Бундай тәрбия мен Қудайға унаў ҳәм ҳақыйқатлықта жүриўге қәлеў туўдырды.
Елши Павел барлық ўақыттағы ҳәм халықтағы исениўшилерге ескертеди: «…бул дүньяның адамларына еликлемеңлер…» (Рим 12:2). Буның орнына бизлер «ой-пикиримизди жаңалаўымыз…» керек (Рим 12:2). Бизлер көпшилик заманагөй масихшылар сыяқлы өзимиздиң мәдениятымыздың тәсири астында болмаўымыз керек, бирақ буның орнына Мухаддес Руўхқа ҳәм Қудайдың Сөзине бизлердиң өмиримиз мәдениятымызды өзгертетуғындай толыўымыз керек. Масихый атааналардың алдында бүгин мынадай мәселе тур: бул дүньяға еликлемейтуғын, ал оны өзгертетуғын әўладты тәрбиялаў.
Душпан ата-аналарды балалары жас өспирим жасында мухаддес Қудайға бойсынған өмир менен жасаўына үмитинен айырғысы келмейди. Бул өтирикке исениў балалардың өтиў жасын қуўаныш пенен күтпей, ал оларды қорқыныш пенен күтиўге мәжбүрлейди. Ол оларды аман қалыўға ямаса жас өспиримлердиң көтерилисши минез-қулқын ақлаўға мәжбүр етиўи мүмкин. Ата-аналары өзлеринен көтерилисти көтип атырғанын билетуғын балалар олардың күткенин ақлайды.
Бирақ ҳәммемиз тәбияттан көтерилисшимиз. Бизиң ата-анамыз гүнакар болған, бизлер гүнада туўылғанбыз ҳәм бизлердиң балаларымыз ҳәм ақлықларымыз усындай көтерилиске бейимлилик пенен туўылады (Забур 50:7; 57:4; Ийшая 59:2 — қа қараң).
Бул жерде де Хош Хабар пайда болады. Биринши ерли-зайып Қудайға қулақ аспағаннан, Ол Өзиниң қутқарыўшы нийетин ҳәрекетке келтире баслады, оларды өзиниң көтерилисинен қутқарыўдың жалғыз усылы. Масихтың орынбасар қурбанлығы қулаған гүнакарларға Қудайдың жарылқаўын сыйлықлады.
Қудай ҳәр бир кейинги әўлад Өзиниң жарылқаўын қабыллаўын, ўәсиятларын усланыўын ҳәм оларды өзиниң балаларына бериўин қәледи. Исениўши ата-аналарға мухаддес тапсырма — балаларға өзиниң өмирин Ийемиз Ийсаға бойсындырыўды үйретиў берилген. Ата-аналар балаларын «қутқарылыў кемесине» алып келиўи керек. Бул үлкен ҳәм мухаддес хызметтиң орынланыўы ушын адамларға Мухаддес Руўхтың күши ҳәм Қудайдың бийиши берилген.
XVIII-әсирдеги Жаңа Англияның пасторы Джонатан Эдвардстың ҳаялы Сара Эдвардс терең руўхый адам болды, ол ҳақыйқатлыққа исениўге ҳәм оны өмириниң ҳәр бир тараўында көрсетиўге талпынды. Бул талпынысты ол ана ролинде жарығырақ көрсетти, оның он бир баласы болды. Джонатан Эдвардс өзиниң «Мемуарларында»: ол өзиниң хызметинде исенимли еди ҳәм балаларды ерте жастан бойсыныўды булжытпай үйреткенин жазады:
Ол балалар менен ислесиўди жүдә жақсы көретуғын еди… Ол тек бир мәрте айтатуғын еди ҳәм оған қуўаныш пенен бойсынатуғын еди, наразылық ҳәм қарсылық балалар ушын таныс емес еди. Олар ата-аналарын әжайып сыйлайтуғын еди… Тартыслар ҳәм распри балалар арасында жүдә сийрек болады, оның шаңарағына… жат еди. Оның тәртип системасы ең ерте жастан баланың өмиринде ҳәрекет етип баслады ҳәм ол өзине ол кишкене болыўына қарамастан өжетлик ҳәм бойсынбаўшылық балада биринши, ал соның менен бирге кейинги көриниўин, оның ерки толығы менен ата-анасының еркине сай болмағанша қарсы турыўды қағыйда етип алды. Ол бала ата-анасын тыңлаўды үйренбегенше, ол Қудайды тыңлай алмайды деп дана ойлады.
Жақында бир ана маған биринши баласы еле кишкене ўақтында оған көпшилик жас адамлардың бойсыныўшылығы, өтиў жасында ол да көтерилис қылыўы керек дегенди билдирмейди деп үйретип баслағанын айтты. Олар күйеўи менен бирге балаларына — басқа адам болыў әрманын сыйлады. Олар оларға қандай адамлар болыў мүмкин екенин айтып берди. Олар бәрҳа оларға жеке үлгисин көрсететуғын еди, бойсыныў жолын таңлаў қандай әҳмийетли ҳәм жақсы.
Балаларда көтерилис туқымы енди өсип баслаған ўақытта дана ата-аналар ийинлерин қысып: «Қәне, бәлким, барлық адамлар буннан өтиўи керек», — деп айтпайды. Олар өзиниң балаларының өзинен кейин эмоционаллық қулаў ҳәм көтерилиў шақырығын физикалық ҳәм гормоналлық өзгеристи басынан өткерип атырғанын түсинеди, бирақ олар балаларды қулақсыз сезимлерди басқарыўға ҳәм олардың өзлерин басқарыўына жол қоймаўын үйретеди. Олар пайда болған машқаланы қатты шешеди, бирақ сүйиспеншилик пенен, тынышлық сақлаўға ҳәм бәрҳа балаларға Қудай ҳаққында гүўалық етиўге ҳәрекет етеди. Балалар надурыс шешим қабыллағанда, белгили ақыбетлерге дус келеди, ал олар өкингенде жарылқаў алады. Дана ата-аналар өзлери қәтелескенинде көниўди көрсетиўге ҳәм кеширим сораўға қорқпайды.
Бирақ баслысы, олар балалары ушын тынбай дуўа етеди, Ол олардың жүреклерин жеңип алыўын күтип, олар Мухаддес Руўхқа исенеди. Олар және де өзлериниң жас өспиримлерине Қудайдың қутқарыўшы келисимин келеси әўладқа бериў кереклигин билиўин береди.
Балалар жүдә бойсынбайтуғын болып атырған бүгинги күнде, Қудайдың келисимин сақлап атырған бизлер, ата-аналар — Қудайдың бейишин услаған әке ҳәм ана, ҳақыйқатлыққа исенетуғын ата-аналар:
Ал Өзин терең қәстерлегенлерге Жаратқанның мийрими мәңги жаўылады. Өзи менен келисимин бузбайтуғын… <…> Бизлердиң балаларымыз өзлериниң жаслығында өскен өсимликтей, қызлар чертогында атақлы болсын.
Балаларыңның ҳәммеси Жаратқан Ийеңнен тәлим алып, карамат аманлық пенен тынышлыққа ериседи.
Көп жыллар бойы маған ҳаяллардың Қудайдан алыслап кеткен балалары ҳәм қызлары ҳаққында жылап айтып бергенлерин еситиўиме туўра келди. Көбинесе сөз руўхый сораўларға ҳеш қандай қызығыўшылық көрсетпейтуғын ямаса қудайсыз өмир образын алып баратуғын үлкен балалар (ямаса ақлықлар) ҳаққында болады. Солай болса да, бул ҳаяллар, балалары — исениўши екенине исенеди. Төменде келтирилген хатларда сол тема көринеди, енди ол тез-тез еситиледи:
Мен шайтанның, көпшилик ата-аналарды соқыр қылыўға ҳәм бул балаларды қараңғылық патшалығының шынжырларында услаўы ушын олардан балаларының ҳақыйқый руўхый жағдайын жасырыўға ҳәрекет етеди. Бул өтирик алдында балаларын ибадатханада өсирген ата-аналар ҳәлсизирек. Ата-аналар оларға «жақсы ҳәм жаманды айырып» үйретти, ал олар қандай да бир тақылетте балалығында ямаса ересеклигинде Масихқа қараған, бәлким, қандай да ўақыт олар руўхый сораўларға расында қызығыўшылық көрсеткен. Бундай ата-аналар соның ушын көбинесе балаларын қутқарылды деп ойлайды.
Бирақ Мухаддес Жазыў, адам Қудай ҳаққында ҳәмме нәрсени билиўи, барлық сораўларға дурыс жуўап бериўи ҳәм аспаннан туўылмаса да, терең диний тәжирийбеге ийе болыўы мүмкинлигин анық үйретеди. Тек Қудай адамның жүрегин биледи. Бирақ Ол бизлерге исенимниң жүректен екенин өзиңдикин ямаса басқаныкин өлшей алыўымыз ушын белгили стандартларды берди. Юханның биринши хаты аспаннан туўылғанларға қутқарылғаны ҳаққында толық исеним бериўи ушын ҳәм бундай исеним ушын ҳақыйқый тийкары жоқлар ушын жазылған. Юхан ҳақыйқаттан қутқарылғанлар ҳәм Қудайға исенемен деп тек тастыйықлайтуғын, ал исинде диний болмағанлар ушын анық ескертиўлер береди:
Егер Қудайдың буйрықларын орынласақ, Оны билетуғынымызды усы арқалы билип аламыз. Оны билемен деп, Оның буйрықларын орынламаған адам өтирикши, онда ҳақыйқатлық жоқ. Бирақ Қудайға деген сүйиспеншилик кәмал табады. Қудай менен бирге усы арқалы билип аламыз. «Қудай менен биргемен» деген адам Ийса сыяқлы жасаўы шәрт. <…>
Нурдаман деп, туўысқанын жек көретуғын адам еле қараңғылықта болады. <…> …Кимде ким дүньяны сүйсе, онда Әкеге деген сүйиспеншилик жоқ. <…>
…Егер бизлерге тийисли болғанда, бизлер менен бирге қалар еди. Олардың кеткени арқалы олардың ҳеш бириниң бизлерге тийисли емес екени мәлим болды. <…>
Қудайдың балалары менен шайтанның балаларын мынадан айырыўға болады: ҳақ ис ислемеген ҳәм туўысқанын сүймеген адам Қудайдан емес.
Ҳақыйқый қутқарылыўдың негизи өкиниў актинде ямаса жақсы ислерде емес, ол-адамның өзгериўинде: «…ким Масихта болса, ол жаңа жаратылыс. Ески нәрселер өтип кетти, енди ҳәммеси жаңа болады» (Коринф 2-х 5:17). Қудайға ҳакқыйқаттан қараған еркек ямаса ҳаял жаңа жаратылыс, жаңа жүрек, жаңа тәбият ҳәм жаңа Мырза: «…бизлерди қараңғылықтың ҳүкимдарлығынан қутқарып, сүйикли Улының Патшалығына…» (Колоса 1:13).
Бул жаңа келисимге бизлердиң исенимде беккем турыўымызға исеним қосылады. Қудай: «…олардың жүреклерине Өзимниң қорқынышымды саламан,
Елши Павел ефестеги исениўшилерге Масихты билемен деп, бирақ ҳақыйқый исенимниң көринислерин өмиринде көрсетпейтуғынлар ҳаққында жазады:
Мынаны анық билип қойыңлар: ҳеш бир бузық, ҳарам, нәпсиқаў, яғный бутпараз адам Масихтың ҳәм Қудайдың Патшалығын мийрас етип алмайды.
Егер ата-аналар балаларын аспаннан туўылды деп билсе, бирақ усының менен олардың өмиринде қутқарылғанның белгилери болмаса, бул өзинен кейин қәўипли ақыбетке алып келиўи мүмкин. Бириншиден, бул мәңгиликтеги өзиниң тәғдирине тыныш сезимли қатнасыққа балаларды исендириўи мүмкин. Бул ата-аналарға дурыс дуўа етиўге ҳәм балаларының жанлары ушын руўхый гүрес алып барыў ушын кесент етиўи мүмкин. Бул жеккелик ҳәм Масихтың қурбанлығын жоқ қылатуғын өзине тән «руўхый жарылқаў» туўдырады. Усылай бизиң ибадатханамыз өзлеринде ҳәмме нәрсе өз орнында деп ойлайтуғын адамлар менен толады. Олар буған исенеди, Масих пенен ҳақыйқый қатнасты қолланыўына қарамастан, олардың өмир тақылети Қудайдың сөзин ғыйбатлаў ҳәм дүньяның көз алдында масихыйлықты дискредитлейди.
Әлбетте, өзгерген адамлар да айырым ўақытлары Қудайды тыңламайтуғын ямаса исенимнен түсиў дәўирин басынан өткеретуғын ўақытлар болады. Бирақ бир де ҳақыйқый исениўши бәрҳа ҳәм билип турып Мухаддес Руўхтың әшкарасын сезбей гүна ислей алмайды.
Руўхый сораўларға балалар ямаса олардың ата-аналары қаншелли хабардар болыўынан ғәрезсиз, өмириниң белгили дәўиринде қаншелли қызғаншақ болыўынан ғәрезсиз, егер оларда Қудайдың сүйиспеншилиги болмаса. Егер олар бәрҳа ҳәм тынбай Қудайдың сөзинен ҳәм Оның жолынан бас тартса, оларды ҳақыйқаттан да аспаннан туўылғанлығы ҳаққында ойланыўға мәжбүр етиў әҳмийетли.
Бәлким, ҳаяллардың мениң менен бөлискен дуўа етиў мүтәжликлериниң кең таралған түри — бул Қудайдан алыслаған балалар ҳәм ақлықлар ушын дуўа етиў мүтәжлиги шығар. Ананың аўырыўы ҳәм кеширимлери ҳаққында толық китап жазыў мүмкин еди:
Буған уқсас нәрселерди басынан өткергенлер, бул ҳаялдың қандай аўырыў сезетуғынын тек болжап билиўи мүмкин. Ата-аналарды қуллыққа алыў ушын душпан еки бир-бирине қарама-қарсы өтирик исенимин қолланады. Бириншиси — олар балаларына шынтлап тәсир ете алмайды. Олар ушын жуўапкершиликти алмайды ҳәм өзлерин ҳәлсиз қурбандай сезиўине алып келеди.
Екинши өтирик исеним — балалардың қандай болғанына жүз процент ата-аналар жуўапкер ҳәм бул толығы менен олардың айыбы. Олар адамның ата-анасының қандай болыўынан ғәрезсиз, ол өзиниң таңлаўы ушын өзи жуўапкер болыўы керек екенин олар түсине алмайды.
Балалар көтерилис шығарғанда, шайтан ата-аналарды ана ямаса мына шекке түсиўге мәжбүр етеди. Олар бирде азап сезимине қыйналады, бирде өзин айыплы деп есаплай баслайды. Еки өтирик те, адамға тек қапашылық ҳәм исенимсизлик алып келиўи мүмкин болған ҳақыйқатлықты жуқа бурмалаў.
Мухаддес Жазыўда уятсыз балалары болған көплеген әдил ата-аналардың ҳәм керисинше Қудайды шын жүреги менен сүйетуғын балалары бар уятсыз ата-аналардың тарийхы сүўретленген. Буны дерлик түсиндириў мүмкин емес. Бирақ, балалары Масихтың шәкиртлери болыўын қәлейтуғын ата-аналарға жәрдемге бир неше көрсетпелер бар.
Ибрайымның жийени Луттың ўақыясы ата-аналардың үлгиси ҳәм баҳалығының тәсири қаншелли қатты болатуғынын көрсетеди. Лут жеңил өмирди, байлықты ҳәм атақты қәдирлейди. Оның жердеги баҳалықлары, оның турғынлары өзиниң менменлиги, әдепсизлиги ҳәм бузықшылықлары менен белгили болған қалаға шаңарағы менен көшип барыўға мәжбүр етти. Оның қызлары Луттың диний «исенимлерди» жек көретуғын ҳәм оның дуўшар болған қаланы таслап кетиўин айтқанында түсинбеген еркеклерге турмысқа шыққаны таң қаларлы ма? Содомнан қашқаннан кейин Луттың қызлар әкесин араққа тойдырып ҳәм гезек пенен баласыз болып қалмаў ушын оның менен қатнасқа кирискени бизлерди таң қалдырыўы керек пе?
Жаңа Келисим бизлерге Лут «әдил» болды деп айтады. Ол Содомның ашық нызамсызлықларында қатнаспады; оның «…олардың наҳақ ислерин көрип ҳәм еситип турып, пәк кеўли күн сайын қыйналатуғын еди» (Петрдиң 2-хаты 2:8). Бирақ, исениўши адам болып. Ол өзиниң жүрегин сақламады, ол дүньялық нәрселерди сүйетуғын еди. Лут Қудайдың Патшалығында бир аяғы менен, ал дүньяда екинши аяғы менен турыўға ҳәрекет етти. Өзиниң үлгиси менен ол өзиниң балаларын дүнья менен келисим излеўге үйретти.
Өзиниң келген баҳалықлары ушын Луттың төлеген баҳасы үлкендей көринеди, бирақ ҳәммеге белгили нызам былай айтады: Не ексең, соны орасаң. Бийкарға былай айтпайды: «Онша үлкен емес санда ата-аналардың жол қоятуғынын, балалары мол етип жол қояды».
Елидиң шаңарағының тарийхы ата-аналарға балалардың минез-қулқына Қудайдың стандартларын орнатыў, ал кейин белгили тәртипти услаў кереклигин айтатуғын ҳақыйқатлықтың анық сүўретлемеси.
Израилдың руўханийи Ели елди бийлер басқарып атырғанда хызмет етти, ол Қудайдың садық хызметшиси болды. Бирақ еки баласы Офни ҳәм Финеестиң жүдә диний шаңарақта өсиўине қарамай, Мухаддес Китапта олар «ҳеш нәрсеге пайдасы жоқ адамлар; олар Қудайды билмейтуғын еди» деп айтылады (Патшалар ҳаққында 1-китап 2:12).
Руўханийдиң балалары болғаны ушын олардың өзлери тек руўханий болыўы мүмкин еди. Бирақ олар өзлериниң шақырығын масқаралады: олар адамлардың Қудайға исенимин жек көрдирди, өзлерине қурбанлықтың ең жақсысын алып ҳәм шатырда хызмет ететуғын ҳаяллар менен қатнаста болды (Патшалар ҳаққында 1-китап 2:13-17, 22 — қа қараң). Қудайға садық адамның балалары қалайынша бундай болып өсти? Гүмансыз, оларға бузылған, гүнаға батқан мәденият тәсир етти, бирақ Мухаддес Жазыў әкесиниң де жаман үлгисин қосқанын еслетеди.
Бизлер Елидиң қартайғанында «аўыр» болғанын билемиз (Патшалар ҳаққында 1-китап 4:18 — қа қараң). Бәлким, оның өзиниң аўқатта устамсыз болғанын, балалары адамлардың қурбанлыққа алып келген гөшинен тойып жеген шығар?
Мухаддес Жазыў бизлерге бир сапары Ели балаларының не ислеп атырғанын билип, оларға жаман қылықлары ушын урысқанын айтады (Патшалар ҳаққында 1-китап 2:22-25 — қа қараң). Бирақ усы ўақыт ол «жүдә қартайған» еди. Ол усындай көп ўақыт күткениниң ҳәм балаларының минез-қулқына дыққат аўдармағанының себебин тек билиў мүмкин еди. Қандай жағдай болса да, оның уллары «өзиниң әкесиниң даўысын тыңламады» (Патшалар ҳаққында 1-китап 4:25 — қа қараң). Қудай еки мәрте бунда не бар екенин ҳәм оның айыбын көрсетип Елиге адам жиберди. Елидиң улларының гүнасы ашық ҳәм қорқынышлырақ болса да, негизинен бул олардың әкесиниң өмириниң нызамлы ақыбети еди:
Ал енди, Мениң жер бетиндеги туратуғын жериме әкелип бериўге ўәсиятлаған қурбанлықларым ҳәм сый-тартыўларыма сизлер неге аш көзлик пенен қарап, оларды хорлайсызлар? Неге сен өз улларыңды Меннен артық көресең? Халқым Израилдың Маған арнап шалған қурбанлықларының ең жақсы бөлеклерин алып, тойып жеп семиресизлер?
Улларының зулымлығы ушын оларды биротала жазалайтуғынымды Елиге хабарладым. Ол улларының Қудайды хорлағанын билип жүрсе де, оларды тоқтатқан жоқ.
Ели жол қойғанына толығы менен төледи.
Бул мысаллар балалардың руўхыйлығы ата-аналарының руўхыйлығына ғәрезли деп дәлиллемейди. Бирақ олар, ата-аналар балаларына үлкен тәсирге ийе ҳәм олардың тәрбиясына жуўапкер екенине гүўалық етеди. Барлық айыпты қатарласлары, муғаллимлер, ғалаба хабарландырыў усылы, ибадатханадағы жаслар топары ямаса ақ сүйеклер мәдениятына төңкериў жүдә әпиўайы. Бирақ солай болса да, бизлер Қудайдың бизлерге исенип тапсырған отарының руўхый жағдайы ушын жуўап беремиз.
Мен сизлер менен өзимниң терең исенимлерим менен бөлисиўди қәлеймен: көпшилик исениўши ата-аналар балаларының өмирине қандай жеке үлги болып, сондай-ақ тәрбиялаў сораўында ата-аналардың қабыллаған (ямаса қабылламаған) шешимлери тәсир етип атырғанын түсинбейтуғынына мен исенемен. Ата-аналар айырым ўақытлары балаларына шешимлерди қабыллаўына рухсат ететуғынына терең таң қаламан ҳәм қәўетерленемен (көбинесе жақсы нийет пенен). Олар қарсы болмайтуғындай тәсир пайда болады. Олар балаларына Қудай менен улыўма ҳеш нәрсеге ийе емес қатары менен қатнаста болыўға, исениўши емес жигит ямаса қыз бенен ушырасыўға, үлкенлерге ҳүрметсизлик қатнасты көрсетиўге, уятсыз кийиниўге ҳәм өзин дүньялық нама ҳәм фильмлер менен қоршаўға жол қояды, ал кейин не ушын олардың балалары дүньяны сүйетуғын ҳәм масихыйлықты жек көретуғынына ҳайран қалады.
Жақында меннен үлкен масихый мектептиң хызметкерлери ҳәм муғаллимлериниң алдында шығып сөйлеўди илтимас етти. Мени мирәт еткен мектептиң хызметкери балаларының руўхый жағдайына бола өзиниң қәўетерлерин айтты. Ол маған: «Бул мектептеги балалар Қудайды жаман көреди, олар Мухаддес Китапты жек көреди. Олар руўхый сораўларға азғана болса да қызығыўшылық көрсетпейди», — деп айтты. Егер бул ҳақыйқаттан да усындай болса, бизлер өз-өзимизден растан былай деп сораўымыз керек: бул жас адамлар өзлериниң шаңарағында не көрди (ямаса көрмеди)? Бундай жемислерди не алып келди?
Бахтымызға, усы әўладта айырым көринерли айырмашылық бар. Бирақ дүнья бойлап көпшилик ибадатханалардың жаслар топарларын гүзетип, мен «масихый шаңарақларда» өсип атырған көпшилик жас балалардың руўхый сораўларына дерлик қызығыўшылық көрсетпейтуғынын көремен.
Егер балаларымыз ер жетип Қудай менен ҳеш қандай улыўмалықты қәлемесе ямаса өзлерин масихыймыз деп санап, бирақ Қудайдың сөзине қарсы жасап атырған болса. Онда машқала өзимизде, бизиң әўладымыздағы ер жеткен масихыйларында. Бул ҳәр бир жақсы масихыйдың тек жақсы баласы болады дегенди билдирмейди. Бирақ ата-аналары исенимнен бас тартатуғын масихый шаңарақлардағы жас адамлардың саны өсип атыр, олардың ата-аналарының қолдан жибергенин тән алыў керек.
Бизлер балаларымызға жуўап бермеймиз деген өтирикке исениўди даўам етсек, онда өзиниң патшалығы ушын келеси әўладты жеңип алыўға ҳәрекет етип атырған душпанның қолында ойнаймыз. Мухаддес Жазыў, ҳәр бир әўлад келеси әҳладқа исеним ҳәм Қудайды ҳүрметлеўди мийрас етип өткериўи кереклигин үйретеди. Бул бир ўақытта ҳүрметли ҳуқық ҳәм исенимли ўазыйпа. Бизлерди кейинги ҳақыйқатлық сергек етиўи керек: бизлер еккен нәрсемизге жуўапкер болыўымыз керек ҳәм ақыр-ақыбет бизлерге жемисти орыўға туўра келеди. Бизлер ҳәм соның менен бул кейинги әўладқа тәсирин тийгизбеўине үмит етип «салқын» тәртиплестирилмеген, дүньялық өмирди алып бара алмаймыз.
Әлбетте, буны басқа мухаддес китаплық ҳақыйқатлық пенен теңлестириў керек: ҳәр бир әўлад Қудайдың алдында өзиниң жүриси ушын ҳәм Оған бойсыныўына жуўап береди. Ата-аналарының не ислеўинен ғәрезсиз, ҳәр бир адам бир күни өзиниң жеке таңлаўы ушын Қудайға жуўап береди (Нызам қайталаў 24:16; Ерем 31:29-30 — қа қараң).
Ата-ана болыў — үлкен ҳәм мухаддес хызмет. Буннан әҳмийетлирек ис жоқ. Жақсы ата-аналар балаларын тәрбиялаўда Мухаддес Руўхқа толық сүйенеди. Мине не ушын ең күшли «қурал» ананың қолында — бул дуўа.
Душпан ҳақыйқатлықты бир әўладтан екиншисине өткериўге кесент етиўге ҳәрекет етип ата-аналарды алдайды. Оның өтиригине исенип ҳәм оның тийкарында ҳәрекет ететуғын ата-аналар, өзлерин ҳәм балаларын қуллыққа дуўшар етеди. Бирақ, ҳақыйқатлыққа исенип ҳәм онда балаларын тәрбиялап ҳәм Қудайдың мийрими менен оларды Қудайдың сөзин ҳәм жарылқаўын кейинги әўладқа өткериўге ақ патиясын бере алады.
ӨТИРИК
27. НЕШЕ БАЛАЛЫ БОЛЫЎДЫ ТЕК БИЗЛЕР ШЕШЕ АЛАМЫЗ
ҲАҚЫЙҚАТ
• Қудай жаратыўшы ҳәм өмирдиң Жаратыўшысы.
• Ҳаялларға Қудайдан берилген өмир бериў ҳәм оған ғамхор болыў хызметин орынлаўды қәлеўге кесент ететуғын ямаса исендиретуғын ҳәмме нәрсе шайтанның мақсетлериниң орынланыўына жәрдем береди.
• Некениң мақсетлериниң бири — жақсы әўладты тәрбиялаў.
• Балаларының туўылыўы — Қудайдың ҳаялларға тапсырған ең әҳмийетли роли. Балаларды Қудайдың жарылқаўы деп қабыллаў керек.
ӨТИРИК
28. БАЛАЛАР ӨМИРДИ БИЛИЎ УШЫН «ҲАҚЫЙҚЫЙ ДҮНЬЯДА» ЖАСАЎЫ КЕРЕК
ҲАҚЫЙҚАТ
• Бизиң ўазыйпамыз — тек «жақсы» балаларды өсириўге ҳәрекет етип қоймастан, ал ҳақыйқатлыққа қуўаныш пенен жасайтуғын, әдилликти жақсы көретуғын ҳәм жаманлықты жек көретуғын, дүньяны өзгертиў ушын Қудайдың қолланатуғын балаларын өсириўге ҳәрекет етиўимиз керек.
• Жас мүләйим өсимлик сыяқлы руўхый өскен ҳәм дүньяға өзлигинен қарсы тура аламан дегенше балалар дүньяның тәсиринен қорғалыўы керек.
• Қудайдан қорқыў ҳәм Қудайға исениў-ақ сүйеклер мәдениятына ҳәм бул дүньяның өзгерислерине қарсы тура алыўға балаларды таярлаўда жақсы усыл.
ӨТИРИК
29. БАРЛЫҚ БАЛАЛАР КӨТЕРИЛИС ДӘЎИРИН ӨТЕДИ
ҲАҚЫЙҚАТ
• Егер ата-аналар балаларынан көтерилисти күтсе, ол жүз береди.
• Қудай Өзиниң келисимин сақлайтуғын ҳәм балаларын усыған үйрететуғын ата-аналарды жарылқайман деп ўәде береди.
• Ата-аналар балаларын Қудай менен жасаўына мәжбүр ете алмайды, бирақ балалары Қудайдың ҳақыйқатлығын сүйип қалатуғындай, олардың руўхый өсиўине жақсы тәсирди тәмийинлейтуғын атмосфераны жаратыўы мүмкин.
ӨТИРИК
30. МЕН БАЛАМНЫҢ ИСЕНИЎШИ ЕКЕНИН БИЛЕМЕН, СЕБЕБИ ОЛ КИШКЕНЕ ЎАҚТЫНДА ДУЎА ЕТТИ ҲӘМ МАСИХҚА ИСЕНДИ
ҲАҚЫЙҚАТ
• Қудайды сүймейтуғын ҳәм Оны күсемейтуғын, Қудайдың сөзин ҳәм жолынан бас тартатуғынлар, өзиниң қутқарылғанында исенимли бола алмайды.
• Анасы ҳәм Әкесиниң өмир образынан ғәрезсиз балалары Қудайды биледи дейтуғынлар, балаларға ҳәм өзине де, балалары ушын керекли дәрежеде дуўа етпей өтирик қәўипсиз сезимин көрсетеди.
ӨТИРИК
31. БИЗЛЕР ӨЗИМИЗДИҢ БАЛАЛАРЫМЫЗДЫҢ ӨМИР ЖОЛЫНДАҒЫ ТАҢЛАЎЛАРЫНА ЖУЎАПКЕР ЕМЕСПИЗ
ҲАҚЫЙҚАТ
• Ата-аналар өзлериниң жеке үлгисинде, үйретиўинде ҳәм басқарыўында балаларының өмирине тәсир етиў мүмкиншилигине ийе.
• Ҳәр бир әўлад келеси әўладқа билим ҳәм Қудайға исеним өткериўге жуўап береди.
• Ата-аналар Қудайдың ғамхорлығына тапсырған жүреклердиң руўхый жағдайы ушын Қудайға жуўап береди.
• Ҳәр бир адам өзиниң Қудайдың алдындағы жүрисине ҳәм оған бойсыныўына жуўап береди. Оның ата-анасының қандай болыўынан ғәрезсиз, ҳәр бир адам өзиниң таңлаўы ушын Қудайдың алдында жуўап береди.
1. Қудай менен КЕЛИСИҢ.
Өзиңиз ҳаққында қандай өтирикке исендиңиз?
2. Жуўапкершиликти өзиңизге АЛЫҢ.
Бул өтирикке исениў сизиң жасаў образыңызға қалай тәсир етти (сизиң қатнасыңыз ҳәм ҳәрекетиңиз)?
3. Ҳақыйқатты ЖӘРИЯЛАҢ.
Төменде келтирилген ҳақыйқатлықтың ҳәр бирин даўыслап оқың. Усылардың қайсысы ҳәзир сиз ушын айрықша әҳмийетке ийе?
Өзиңиздиң ақылыңызды Қудайдың сөзи менен жаңартың. Даўыслап келеси үзиндилерди оқың. Бул аятлар балалар ҳәм олардың өмиринде ата-аналардың роли ҳаққында не айтады?
Забур 126
Матта 19:13-15
Забур 77:1-8
Салоника 1-хаты 2:7
4. Ҳақыйқат тийкарында ҲӘРЕКЕТ ЕТИҢ.
Өмириңиз ҳақыйқатлыққа туўра келиўи ушын қандай адым атыўыңыз керек?
5. Ҳақыйқатта жүриўиңиз ушын Қудайдан жәрдем СОРАҢ.
СЕГИЗИНШИ БАП
ҲАЯЛЛАР ИСЕНЕТУҒЫН ӨТИРИК…
…СЕЗИМЛЕР ҲАҚҚЫНДА
Бир неше жыл алдын барған ҳаяллар конференциясының биринде бизлерге музлатқышлар ушын әжайып магнитлерди саўға етти. Оларда түрли сезимлердиң толық дизими бар еди: уялыў, таң қалыў, ашыў, қайғы, қапашылық, қуўаныш. Ҳәр бир сөздиң астында сәйкес келетуғын күлкили жүз соғылған.
Бул дизимге басқа: «Бүгин мен…» деген жазыўы бар кишкене рамкалы магнит қосылған. Оны сол сөзлердиң бириниң үстине өзиңниң бүгинги сезимлериңди көрсетиў ушын қойыў керек еди.
Егер бизлердиң айырымларымыз бул көрсеткишти ҳәр сапары өзгерткенимизде, бизлердиң сезимлеримиз өзгергенде, бизлерде басқа ҳеш нәрсеге ўақыт қалмас еди. Бизлердиң ҳаяллық сезимлеримиз еркеклердиң қолларын көтериўге ҳәм: «Мен жеңилдим. Мен сени түсине алмайман!», — деп мойынлаўға мәжбүр етеди. Оларды бул ушын ҳеш ким айыплай алмайды.
Бизлер өзлеримиздиң басқара алмайтуғын сезимлеримиз бенен гүрескенимизде, ҳәммесинен сезимлер тәбиятынан гүналы екенин шешиў аңсат ҳәм соның ушын оларды езиў керек. Бизлер Қудайдың образы бойынша жаралғанымызды есте тутыўымыз керек, ал бул бизлерде ҳәр түрли сезимлерди сезиў ҳәм көрсетиў қәбилети бар екенин билдиреди. Қудай бизлерге қуўаныш, ғәзеп, қызғаныш ҳәм қайғыға қосып таза кеширмелердиң пүтин спектрин көрсетеди. Ол бизлерди сезиўге ҳәм Оның жүрегин сүўретлейтуғын ҳәм Оған даңқ алып келетуғын көплеген түрли сезимлерди көрсетиў қәбилети менен жаратты.
Машқала бизлерде сезимлердиң барында — бул Қудайдан сый. Машқала Қудайдың сезимине қарағанда бизлердиң сезимимиз гүна менен бузылғанында. Бизлер Мухаддес Руўхқа оларды жақсы көрсете алыўымыз ушын, сезимлеримизди жарық етиўи ушын жол қойыўымыз керек.
Бизлердиң жеке сезимлеримизден басқа бизлерди қуллыққа алып келетуғын душпанның тәсирлирек қуралын мен билмеймен. Ол бизлерди сезимлеримиз ҳаққында өтирикке исениўге мәжбүр етеди.
Бизлер өзимизди сүйикли еместей сезсек, демек душпанымыз бизлерди ҳақыйқаттан ҳеш ким сүймейтуғынына исениўимизди қәлейди. Егер бизлер қандай да машқаланы шеше алмайтуғынымызды сезсек, онда ол да тап сондай бизлер ҳеш нәрсе ислей алмаймыз. Егер бизлер Қудайдың бизлерди таслап кеткенин ямаса Ол бизлерге деген әделетсиз қатнаста ҳәрекет ететуғынын сезсек, онда, демек, үмит жоқ. Егер бизлер өзлеримиздиң қутқарылғанымызды сезбесек, онда бәлким бизлер қутқарылмаған шығармыз. Егер бизлер кеширилгенимизди сезбесек, бәлким, бизлер кеширилмегенбиз.
Бирақ ҳақыйқат гүна себепли бизлердиң сезимлеримиз көбинесе ҳақыйқатлық пенен онша улыўма нәрсеге ийе емеслигинен турады. Көпшилик жағдайларда сезимлер ҳақыйқатлықты белгилейтуғын исенимли өлшем болып есапланбайды, ал өтирикли. Өзгермейтуғын Қудайдың ҳақыйқатлықлығы ҳәм Оның ҳақыйқатлығы емес, ал бизлердиң сезимлеримиз бәрҳа өзгеретуғын шараятларға тийкарланса, бизлер руўхый теңликти сақлаў қәбилетимизди жойтамыз.
Сезимниң көтерилиўине жүдә аз нәрсе керек: қуяшлы күн, айлықтың көбейиўи, достыңнан мақтаў, үлкен проекттиң әўметли тамамланыўы ямаса бир неше килограмм салмақ жойтыў. Соның менен бирге сезимниң түсиўи түрли себеплер менен болыўы мүмкин, мысалы, бултлы жаз, аўыр жумыс күни, әўметсиз телефон қоңыраўы, аўырлыққа қосылыў, аўыр күнлер, уйқысыз түнлер ямаса әпиўайы кештиң алдында бизлер жүдә кеш жеген пицца.
Ал егер қосақ бес жыл ишинде төрт баланың туўылыўы, көшип өтиў, жумысты жойтыў, күйеўиңниң ямаса балаңның өлими, еси аўған қартайған ата-аналарға ғамхорлық етиў ямаса рак сыяқлы бундай «шын» ўақыяларда бизлер өзлеримиздиң сезимлеримиздиң үстинен басқарыўды жойтамыз.
Нервлик үзилистен қашыў ушын бәрҳа өзлеримиздиң ойымыз ҳәм жүрегимизди ҳақыйқатлыққа қаратыўымыз керек. Ал мен буны сеземен бе, сезбеймен бе, ол Қудайдың минсизлигинен турады. Мен буны сезсем де, сезбесем де Қудай мени сүйеди. Мен ушын төккен Ийса Масихтың қаны маған өзимди кеширилгендей сеземен бе, сезбеймен бе буннан ғәрезсиз маған кеширилиў береди. Қудай мени ҳеш қашан таслап кетпейди ҳәм қалдырмайды, Ол бәрҳа мениң менен бирге, әсиресе, мен өзимди жалғыз ҳәм ҳәмме таслап кеткендей сезген ўақытта.
Егер бизлер ҳақыйқатлықта жүриўди қәлесек, онда бизлердиң сезимлеримиз бәрҳа исениўге ылайық емес екенин түсиниўимиз керек ҳәм ҳақыйқатлыққа туўры келмейтуғын қәлеген сезимлерден бас тартыўға таяр болыўымыз керек.
Бир ҳаял (оны Конни деп атайық) исенимли ҳақыйқатлыққа қарағанда сезимлерине тийкарланғанын мойынлады. Ҳақыйқатқа өзиниң сезимлерин басқарыўға жол қоя алатуғынын түсингенде оның пикирлеўи өзгергенин есте тутың.
Филиплилерге жазылған хаттың соңғы бабында елши Павел руўхый теңликтиң ҳәм сезимлериниң турақлы болыўының рецептин береди:
Ийемиз бенен қатнаста болып, бәрқулла қуўаныңлар… <…> Ҳеш нәрседен тәшўиш шекпеңлер. Ал ҳәмме нәрсе ушын дуўа етип ҳәм жалбырынып, ҳәр бир тилегиңизди оған шүкирлик пенен билдириңлер… …Нелердиң ҳақыйқатлық… екенин терең ойланың.
Нәтийже?
…Сонда ҳәр қандай ақыл-ойдан зыят болған Қудайдың тынышлығы Масих Ийса арқалы кеўиллериңизди ҳәм ой-пикирлериңизди қорғайды. <…> …Сонда тынышлық бериўши Қудайдың Өзи сизлер менен бирге болады.
Бул өтирикти душпан, бизлердиң толығы менен жеке сезимлеримизге ғәрезли болыўымызға исендириўге қолланады. Бизлер ҳақыйқаттан өзлеримиздиң сезимлеримизди бәрҳа өзгерте алмаймыз, бирақ бизлер сезимлерге өмиримизди басқарыўына жол қоймаўымыз керек.
Бәлким, сиз мед көригинен өтиў алдында тынышсызланыўды жеңиўге күшсиз шығарсыз, бирақ сиз қәўетерлениўди ҳәм ақыбети ҳаққында тынышсызланыўды тоқтата алыўыңыз мүмкин. Бәлким, айдың белгили күнлеринде ашыўыңызды жеңиў жағдайында емес шығарсыз, бирақ сизлер жолыңызда ушырағанларға бақырыўды тоқтата аласыз. Сизиң жалғызлық ўақтыңызда үйленген еркек сизге қызығыўшылық көрсетиўди басласа, сизлер бәлким, ҳәлсизлик ҳәм күшсизлик сезиминен қутыла алмайсыз, бирақ сизлер өзиңизди тутып, оны сүйип қалмаўыңызда мүмкин!
Бизлерде толқынланып атырған сезимлерден ғәрезсиз, бизлер Қудайдың мийрими менен шешим қабыллап ҳәм оған қараўымыз, исениўимиз ҳәм Оған бойсыныўымыз керек. Бул бизлерге ҳеш қандай қыйыншылықларға қарамастан садық қалыўға жәрдем беретуғын Оның тынышлығын ҳәм жарылқаўын алып келеди.
Мениң жақсы көрген жазыўшым Ханна Уайтон Смиттиң өмириниң жағдайлары кимди болса да нервлик үзилиске алып келиўи мүмкин еди. Ол руўхый ҳәм эмоционал сабырсыз адам ҳәм оған бир неше рет қыянет еткен ўазшыға турмысқа шықты. Оның бес баласының екеўи қур өзектен өлди. Бир қызы күйеўинен сүўретшиге қашып кетти, басқасы атақлы атеистке турмысқа шықты. Ханнаның өзи артриттиң қыйын тутыўынан қыйналды. Бирақ ол өмирин өзиниң сезимлери тийкарында дүзбеди. Оның китаплары Қудайдың изинен ериўге, сезимлеринен ғәрезсиз Оған бойсыныўға өзгермейтуғын исенимди көрсетеди.
Бизлердиң Қудай менен қарым-қатнасымыз сезимлерге тийкарланбаўы керек. Сезим-бизлердиң еркимиздиң тек қулы екенин түсиниў зәрүр.
Ерк сезимлерди басқарыўы мүмкин, тек егер бизлер әсте тийисли шешимди билип турып қабылласақ. Көп рет мениң сезимлерим ҳақыйқатлыққа туўры келмегенде, мен ҳақыйқатлықты жәрияладым…
Толқынланған сезимлер, даўыл ўақтындағы корабль сыяқлы оларды услап туратуғын якорге мүтәж — егер сизлердиң еркиңиз оларды Қудайдың уллылығына бойсындырса, онда ақыр-ақыбет олар пәсейеди.
Мухаддес Жазыўда ҳеш қандай даўылға қарамай сезимлерди басқарыўға жол қоятуғын көплеген Қудайлық бейишлер ҳәм ўәсиятлар бар:
• Қудайдың сөзи: «Мен ҳәмме ўақыт сизлер менен бирге боламан» деп ўәде береди (Матта 28:20). Соның ушын, бизлер өзлеримизди жайлаған жалғызлық сезимине бойсыныўға миннетли емеспиз.
• Қудайдың сөзи: «Ол сизлерге ғамхорлық қылады» (Петрдиң 1-хаты 5:7), — деп ўәде береди. Соның ушын, бизлер ертеңги күнди ойламай тыныш уйықлай аламыз.
• Қудайдың сөзи: «Таўлар қозғалады ҳәм төбелер шайқалады-ал Мениң мийримим сеннен кетпейди…» деп ўәде береди (Ийшая 54:10). Соның ушын, бизлер қорқынышта жасамаўымыз керек.
• Қудайдың сөзи: «Жүреклериңиз ғам шекпесин, қорқпаңлар» деп айтады (Юхан 14:27). Демек, жағдайға қарамастан қорқынышқа берилмеўимиз мүмкин.
• Қудайдың сөзи: «Ҳеш нәрседен тәшўиш шекпеңлер…» деп айтады (Филип 4:6). Демек, бизлер қәўетерлеримизге қарамастан тынышлыққа ерисе аламыз.
• Қудайдың сөзи: «Ҳәмме нәрсеге шүкирлик етиң…» деп айтады (Салоника 1-хаты 5:18). Демек, бизлер әтирапта ҳәмме нәрсе бузылып атырса да шүкирлик билдире аламыз.
• Қудайдың сөзи: «Душпаныңызды сүйиңлер…» деп айтады (Матта 5:44 — қа қараң). Демек, бизлерди қанша қапа қылса да, бизлер Мухаддес Руўхтың күши менен сүйе аламыз.
• Қудайдың сөзи: «…биреўге өкпели болсаңыз, оны кешириңлер» деп айтады (Марк 11:25 — қа қараң). Демек, бизлерге қаншелли аўырыў келтирмесин ямаса бизлерге қарсы қатты гүна ислегениниң әҳмийети жоқ, бизлер кешире алмайтуғын адам жоқ.
Бизлер Масихқа қарағанымызда ҳәм ҳәр бир ойымызды ҳақыйқатлыққа бойсындырғанымызда, Мухаддес Руўх бизлердиң сезимлеримизди жарық етеди ҳәм бизлерге тәбияттан тыс жарылқаў, жубаныш ҳәм тынышлық береди:
Солай етип, Масих пенен бирге тирилген болсаңыз, онда аспандағы нәрселерди излеңлер. Масих сол жерде, Қудайдың оң жағында отырыпты. Жердеги емес, ал аспандағы нәрселерди ойлаңлар.
… Ҳәр бир ой-пикирди Масихқа тутқын етип бойсындырамыз…
Руўхы беккемлерди Сен минсиз дүньяда сақлайсаң, себеби ол Саған жалбарынады.
Егер бизлер бул өтирикти қабылласақ, онда тез арада өзимизди ҳәлсиз ҳәм ашыўланғандай сезгенимизде, өзимизди қолымызда услай алмайтуғынымызға исенемиз. Бизлер өзлеримиздиң сезимлеримизге
Солай етип, егер кешки онда бизлер тосаттан шоколадлы муз қаймақ жегимиз келсе, бизлер дәрриў музлатқышқа барамыз. Егер уйықлағымыз келмесе, бизлер түнге шекем кино көрип шығамыз. Егер азанда турыўды қәлемесек, бизлер басымызға көрпе ораймыз ҳәм өзимизди аўырғандай көрсетемиз. Егер бизлерде кешки аўқат таярлаўға айрықша қәлеў болмаса, онда үйге пицца буйырамыз. Егер жыйнаўды қәлемесек, бизлер тәртипсизлик депрессия ушын себеп боламан дегенше күтемиз.
Машқала сонда, егер бизлер сезимлеримиздиң изинен жүрсек ҳәм өмиримизди басқарыўына бийлик берсек, онда қыйыншылық келсе, және оларға қулақ асамыз.
Кейинги жыллары ҳаяллардың өмир дәўириниң бир нешеси ҳаққында көп айтылады. Айырым изертлеўлер ҳақыйқаттан «бизлердиң әжайып жаратылғанымызды» түсиниўге өзлериниң жеккелиги ҳәм билимданлардан алған ҳүжжетлер тийкарында өзлериниң адамларға деген кеширилмейтуғындай қатнасын ақлаўы менен бәнт.
Айырым ҳаяллар жаман кейпиятқа ҳәм етек келиў дәўириндеги әдепсиз минез-қулқына жуўапкершиликти жүклейди (аўа, мен буны көбинесе ислегим келеди). Бул алжасыў Марияның некесин бузыўына сәл қалды:
Айырым ҳаяллар кейпиятының бәрҳа өзгериўин ҳәм аўыр жүклиликтиң ҳәрекетин «түсиндиреди» (ақлайды деп санаң). Мен өзлерине климакс басланғанда нервлик үзилисин алдыннан жобаластыратуғын ҳаялларды да ушыраттым.
Сөзсиз, бизлердиң органзмимизде болып атырған барыслар, бизлердиң сезимлеримизге, ойымызға ҳәм руўхымызға да тәсир етеди. Бизлер өзлеримиздиң жеккелигимиздиң айырым аспектлериниң күшин пәсейте аламыз — олардың ҳәммеси бөлинбейтуғындай өз-ара айналысқан. Бирақ бизлер физикалық жағдайымызға ямаса гормоналлы өзгерислерге тийкарланып денелик гүнакар минез-қулқымызды ақлаған ўақтымызда душпанның қапқанына түсемиз.
Мен он еки жыл даўамында себепсиз жылағынымды еслеймен. Ҳәзир, артқа қарап, мен организмимде әҳмийетли өзгерислер жүз бергенин, ҳәм ҳаял болғанымды еслеймен. Бирақ, ҳәзир мен сол жыллары жол қойған ғәзеплениўиме ҳәм қапаланғаныма кеширим болып хызмет ете алмайтуғынын түсинемен.
Көп жыллар алдын шығыўлардың аўыр дизимлеринен мен физикалық ҳәм сезимлик жақтан шаршаған едим. Мен адамларға жаман қатнаста бола басладым, мен бәрҳа ҳәммени ҳәм ҳәмме нәрсени критикалай басладым ҳәм әтираптағылардың мениң қасымда болыўы аўыр болды. Сол ўақытта мениң бир достым: «Шаршағанлық сениң өзиңди денелик тутыўыңа ҳуқық бермейди» — деп айтты. Тәўбе етемен, сол ўақытта маған бул әшкаралаў унамады, бирақ дәл сол ўақытта ол зәрүр еди — бул аўрықлы болды, бирақ ҳақыйқатлықты еслетиў зәрүр.
Қудай бизлердиң организмлеримизди өзиниң «жыл мәўсимлери» ҳәм жәўирлерин бар етип дүзген. Әлбетте, қыйыншылық өмиримиздиң ҳәр бир дәўиринде бар. Гүнакарлықтың ақыбетлериниң бири — аўырыўлы туўыў. Бирақ сөз тек туўыўдың өзи ҳаққында емес. Мысалы, етек келгенде көпшилик ҳаяллардың өтетуғын азаплары да бизлерге гүнакарлықты еслетеди.
Бирақ айлық дәўир — Қудайдың бизлерди ҳаял қылып жаратқанын еслетеди, соның ушын бизлер бала көтерип ҳәм оларға өмир бере аламыз. Мен турмысқа шықпаған болсам да, бәрибир өзимниң не ушын усындай екенимди, Қудайдың не ушын мени жаратқанын ҳәм жерде Оны қалай уллылайтуғынымды есимде тутаман.
Қудай бизлердиң денемизди жаратпады ма? Оның қалай жайласқанын Ол билмей ме? Сизлер, бизлердиң гормонларымыз, етек келиўлеримиз, еки қабатлық ҳәм климаксларымыз Қудайды таң қалдырады ҳәм Ол сол ўақытлары ол ҳаққында қалай ғамхорлық ететуғынын билмейди деп ойлайсыз ба?
Забур жырлаўшысы Қудайды Оның ғамхорлығы ушын ҳәм бизлердиң организмимизди қалай орналастырғаны ушын алғыслайды:
…Сен ишки қурылысымды қәлиплестирдиң, ана қурсағында мени жараттың. Әжайып жаралдым, Сени мақтайман. <…> …Мен ана қурсағында қәлиплесип, сырлы жерде жатқанда жаралып, Сеннен сүйеклерим таса болмады, урық ўақтымда маған көз тасладың, Сен маған буйырған күнлериңниң биринде, еле туўылмастан бурын, олардың ҳәммеси Китабыңда жазыўлы турған еди.
Қандай әжайып пикир! Туўылмастан көп алдын денемиздеги ҳәр бир молекула, сизиң өмириңиздиң ҳәр бир күни жақсы жобаластырылған. Ол етек келиўдиң биринши күнин белгиледи, қашан ҳәм неше мәрте бала көтериў аўҳалында болатуғыныңызды ҳәм овуляция қашан тоқтайтуғынын белгилейди. Ол ҳәр бир минутта денеңизде не жүз берип атырғанын анық биледи.
Дана, сүйетуғын жаратыўшы сизиң гормонларыңыз бенен не болып атырғанын ямаса өмириңиздиң ҳәр бир дәўиринде сиз ҳаққында ғамхор бола алмай ма? Ол жеңил өмирди усыныс етпейди, бирақ сизиң мүтәжликлериңизди қандырыўға ҳәм ҳәр бир этапта қыйыншылықларды жеңиўге жетерли жарылқаў бериўди ўәде етеди.
Менопауз ямаса эстроген ҳаққында китаплар жазылмастан алдынырақ Франциск де Сале (1567-1622) қәлеген жастағы ҳаяллар ушын дана сөзлер айтты:
Өмириңиздиң өзгерислеринен қорқпаң. Жақсысы, олар келгенде сиз тийисли болған Қудай сизлерди апатлардан азат ететуғынына үмит пенен алға қараң. Ол сизлерди усы күнге шекем сақлады — демек, Оның қолынан қатты услаң ҳәм Ол сизлерди өмир бойы алып өтеди. Ал сизлер жүре алмаған ўақтыңызда, Ол сизлерди қолында алып жүреди. …Дәл сол ҳәзир сизлерге ғамхор болып атырған мәңгилик Әке сиз ҳаққыңызда ертең ҳәм ҳәр бир күн ғам шегеди. Ол сизди я қайғыларңыздан қорғайды, я оны көтериўге күш береди. Демек, тыныш болың ҳәм барлық жаман ойларыңызды ҳәм көринген қорқынышларды шетке қойың.
Салоникалыларға жазылған биринши хаттағы Павелдиң дуўасы тек I-әсирдеги исениўшилер ушын арналмаған. Ол тек еркеклер ушын да емес. Мен бул дуўаның ҳаялдың өмириниң ҳәр бир дәўирине туўра келетуғынына исенемен. Бул дуўаға жуўап әлбетте келеди, бизлер тек оған исенип ҳәм бизлердиң илтимасларымызды орынлаўына жол қойыўымыз керек:
Тынышлық бериўши Қудайдың Өзи сизлерди толық мухаддес қылсын: пүткил руўхыңыз, жаныңыз ҳәм денеңизди Ийемиз Ийса Масихтың келиўине кемшиликсиз қылып сақласын. Сизлерди шақырған Қудай садық, Ол усыны әмелге асырады.
Мен бул бапты жазғанымда бир пастордың ҳаялы маған қоңыраў қылды. Ол мениң менен күйеўиниң көп жыллардан бери депрессиядан шыға алмағанлығы ҳаққында кеширмелери менен бөлисти. Бул олардың өмири ҳәм некесине жүдә қатты тәсир етти.
Сөйлесиў ўақтында ол бундай жағдайларға түскен көплеген адамларды қызықтыратуғын сораўларды берди: бәлким бул туқым қуўыўшы шығар? (Күйеўиниң шаңарағында өзин өлтириў ўақыясы болды). Бәлким, ҳәммесине жаман ден саўлық ямаса оның қабыллаған дәрилери айыплы шығар? Буған шайтан араласпады ма екен? Бәлким күйеўи албыраўда болған белгили руўхый ҳақыйқатлықты түсинбейтуғын шығар?
Депрессия — ҳаяллардың актуал машқаласы, бизлер оның менен еркеклерге қарағанда еки есе көбирек қайғырамыз. Батыста бурыннан бетер бүгинги күнде таралған нәрсе — бул ҳаяллардың депрессиясы. Невропатологияның бул диагнозды аўырыўдың ерте дәўиринде қойып ҳәм оны дәрилер ҳәм психотерапиялар менен емлеўине қарамастан, аўырыўлардың саны тек өсип атыр ҳәм бул аўырыўдан еркин болғанлардың проценти жүдә төмен.
Мухаддес Жазыў депрессия, қапаланыў ҳаққында көп айтады ҳәм айырым жағдайларда бизлер депрессия деп атайтуғын аўырыў тек гүнадан қыйналған дүньяның өмириниң сөзсиз ақыбети екенин түсиндиреди. Римлилерге жазылған хаттың 8-бабында Павел ғарғысқа ушыраған гүнакар дүньядан толығы менен азат болыўды сабырсызлық пенен күтип атырған барлық жаратылыслар бул аўырманлық астында «қыйналады».
Депрессия, нәсиллик жайласыўлар ҳәм басқа физиологиялық факторлардың өз-ара қатнасын гүзетиў ушын көплеген наукалық ҳәм медициналық изертлеўлер қолланылды. Ҳәзирге шекем көп нәрсе изертленбей қалды ҳәм емлеўдиң ҳәр қыйлы түрлериниң ақыбетлери де бизлерге белгили емес. Бирақ бизлер көпшилик жағдайларда депрессияның физиологиялық симптомлары миннетдар болмаў, шешилмеген тартыс, жуўапкершиликсиз, айып сезими, қайғы, кешириўди қәлемеў, садықсызлық, өзиңниң ҳуқықларыңды ҳәдден зыят талап етиў, ғәзеп ҳәм өзин ойлаўшылық сыяқлы руўхый аўырыўлардың ақыбети екенин анық билемиз.
Егер бул аўырыўдың тийкарғы шәрти менен гүреспесек, онда бул бизлердиң руўхый ҳәм денелик ден-саўлығымызда сөзсиз көринеди. Айырым жағдайларда дәрилер депрессияның симптомларын азырақ пәсейтиўи мүмкин. Бирақ егер депрессияның тийкарғы себеби физикалық сырқаўланыў болса, онда дәриниң тәсири тек ўақытша болады. Дурыс қабылланған дәрилер депрессияның аўыр түрлери менен қыйналатуғын адамларға өзине келиўге ҳәм өзиниң аўырыўының себебин табыў ушын анық пикирлеўге жәрдем береди. Бирақ руўхый аўырыўдан «азат ететуғын» ҳеш қандай дәри жоқ. Тилекке қарсы, жүдә көп адамлар машқаласының шешимин дәрилерден көреди. Бирақ егер адам өзиниң ишки машқалаларынан кешпесе, онда ҳақыйқый еркинликке үмит етпесе де болады.
Бәлким, Мухаддес Китапта айтылған адамлардың көпшилиги депрессиядан қыйналғанын билип таң қалатуғын шығарсыз. Олардың тарийхы бул аўырыўдың айырым себеплерин ашыўға жәрдем береди.
Мысалы, патша Ахаб қәлеген нәрсесине ериспегенинде депрессияға түсти. Ахабтың қоңысысы оған алғысы келген жер майданын сатыўға разы болмағанды, Ахаб ғәзепленип, үйине келип: «қәўетерленип ҳәм қапаланып… ҳәм өзиниң төсегине жатты ҳәм жүзин бурып, нан жемеди» (Патшалар ҳаққында 3-китап 21:4). Ахабтың ҳаялы Иезавель жерди алыўға жәрдем беретуғынын ўәде етип оның жаман ойларын жоқ етиўге ҳәрекет етти. Ол: «Тур, нан же ҳәм тынышлан, мен Израиллы Навуфеяның жүзим бағын саған алып беремен» (Патшалар ҳаққында 3-китап 21:7), — деп айтты.
Мениң жеке өмиримдеги эмоционаллық түсиўлерим ҳәммесинен бурын белгили әўметликлерге қатнасым екенин мойынлаўым керек. Жүрегимниң түпкиринде мен ғәзепти сеземен, бирақ оны көрсетпеймен, ал ким болса да буны билип ҳәм Иезавелдиң Ахабқа жәрдем бергениндей жәрдем бериўине үмит етип өзимниң сезимлеримди басаман.
Юнустың ўақыясы депрессия ҳәм өзин өлтириў ойы Қудайға ғәзеплениўден пайда болыўы мүмкин екенин көрсетеди. Қудай Юнустың пикири бойынша олардың ылайық болған ниневиялыларды жоқ қылмағанында, «Юнус буған қапа болды ҳәм ашыўланды. Ҳәм ол Қудайға дуўа етти… енди, Қудайым, мениң жанымды өзимнен ал, себеби жасаўдан гөре, өлгеним жақсы» (Юнус 4:1-3). Қудай Юнусты ашыўында әшкаралады: «Бул сени сондай ашыўландырды ма?» (4:4).
Бул сәўбетлесиў, Юнус өзине саясын түсирип турған, кейин қуўрап қалған өсимлик себепли қаттырақ ашыўланған ўақытта қайталанды. Қудай пайғамбардың өзиниң депрессиясының себеби, жағдайдың өзинде емес, ал оның Өзиниң мақсетине қатнасында жасырынғанын түсиниўин қәледи.
Анна жақсы ҳаял еди, бирақ күйеўиниң екинши ҳаялы менен аўыр қатнасы ҳәм узақ ўақыт орынланбаған қәлеўи себепли депрессияға түсти. Оның жақсы күйеўи оны сүйетуғын еди. Бирақ белгисиз себеплер менен Қудай Аннаның «жатырын жаўды». Ол бала туўа алмаўшылықтан күйеўиниң екинши ҳаялы Феннананың жеңил көтерип, бала туўып оның ашыўына тийгенинен қыйналыўы аўырласты:
Оның күндеси оны ашыўландырды, бала көтермейтуғынын бетине басып, қапаландырды. Жыл сайын Жаратқан Ийениң үйине барғанда усындай болды, ол жылап, ҳеш нәрсе жемеди.
Бизлер жүз берип атырған жағдайда Қудайдың қолын көрмесек ямаса Оның менен қарсыласып басласақ, бизлер эмоционаллық сыяқлы, руўхый да ҳәлсиз боламыз.
Даўыт патшаның өмири, айырым ўақытлары депрессияның себеби бизлердиң жеке гүнамыз екенин, ал айырым ўақытлары гүнакар дүньямызда қашып қутыла алмайтуғын аўырыў себепли екенин көрсетеди.
31-Забурда Версавия менен гүнасы ҳәм Урияның өлтирилиўи ушын тәўбе етип атырған Даўыттың денелик ҳәм руўхый қайғысын сүўретлейди:
Гүнамды айтқым келмеген еди, сонда аяқ-қолым қақсады, күн бойы ыңқылдап жүрдим. Себеби күни-түни Сениң қолың аўыр болып мениң үстимде жатты. Сол ўақытта жаздың ыссысы қуўратқан көк шөпке уқсап мен солып қалдым.
Бирақ Даўытта бәрҳа депрессияны өзиниң жеке гүнасы шақырмады. Ўақты-ўақты менен оның өмиринде аўыр ўақытлар болды ҳәм бул туўрыдан-туўры оның гүналары менен байланыслы емес еди. Ол өзиниң қайғыларын көплеген жырларда сүўретлейди:
…Мен өзимниң қайғымда уяламан… <…> Жүрегим ишимде тыпыршлайды ҳәм өлим қорқынышлары маған ҳүжим етти. Қорқыныш ҳәм ҳәўлириў мени тапты ҳәм қорқыныш мени жайлады. Мениң көз жасларым күни-түни мен ушын нан болды…
Өмир жара келтиргенде Даўыт Қудайды жәрдемге шақырыўды үйретти. Ол ҳақыйқатлықты қайталаў, өзиңе қыйын сораўларды бериў ҳәм Қудайдың минез-қулқын түсинип жигерлендириў зәрүрлигин түсинди:
Жан дүньям неге сен қапасаң, неге қапасаң? Жалғыз Қудайдан үмитиңди үзбе, себеби өзимниң Қутқарыўшымды-Қудайымды еле алғыслайман; Сени ойлайман… <…> Күндиз Ийем маған мийрим көрсетеди, түнде Оны мақтап, алғыслап…
Доктор Мартин Ллойд-Джонс руўхы түскенлерге мүражат етип бул аятларды өзиниң «Руўхый депрессия» китабында қолланады:
Сизиң өзиңиздиң жаныңызға: «Неге қапасаң? Сени не уялдырады ҳәм тынышлықтан айырады?» деп айтыўыңыз керек. Сизлер қәўетерленип ҳәм шағым етиўдиң орнына, өзиңизди…: «Қудайға үмитлен» деп ақылландырыўыңыз керек. Сизлер өзиңизге Қудай ҳаққында, Оның тәбияты, Қудайдың өзиңиз ушын не ислегенин ҳәм не ислейин деп ўәде еткенин еслетиўиңиз керек.
Яқыптың жазған хатының соңғы бабында депрессия менен қыйналып атырған адамларға тәжирийбели мәсләҳәт берилетуғын үзинди бар:
Араңызда азап шегип атырған бар ма? Ол дуўа етсин. Руўхы көтериңки адам бар ма? Ол Қудайға алғыс-мақтаў қосығын айтсын. Араңызда аўырыў адам бар ма? Ол исениўшилер жәмәәтиниң ақсақалларын шақырсын. Олар Ийемиз Ийсаның аты менен оны май менен сылап, ол ушын дуўа етсин. Исеним менен етилген дуўа аўырыўға шыпа береди. Ийемиз оны аяққа турғызады. Егер ол гүна ислеген болса, гүнасы кешириледи. Солай етип, шыпа табыўыңыз ушын, бир-бириңиздиң алдыңызда гүналарыңызды мойынлаңлар ҳәм бир-бириңиз ушын дуўа етиңлер. Ҳақ адамның дуўасы жүдә күшли тәсирге ийе.
Алдын-ала бул жерде бизлердиң сезимлеримиз ямаса жағдайымыз қандай болыўына қарамастан, бизлер алдын Қудайға жәрдем сорап барыўымыз кереклиги айтылады. Бизлер әўметтемиз бе ямаса қайғыда ма, бахытлымыз ба ямаса қапамыз ба, саўмыз ба ямаса аўырыўмыз ба-биринши адым бәрҳа Қудайдың бар екенин билиў болыўы керек. Аўыр жағдайларда бирге болыўын ҳәм оны жеңиў ушын бизлерге керек нәрселерди бериўин Қудайдан сораўымыз керек.
Бирақ көбинесе бизлер Қудай ҳаққында еслемеймиз. Егер бизлер аўырыў сезсек, онда жубаныш излеп дәрриў аўырыўдан қутылыў ушын қаржы дереклерине мүрәжат етемиз. Ақыр-ақыбет ашылған Мухаддес Китап пенен дизерлеп турып ҳәм Қудайдың «руўхымыздың қараңғы түнине» не айтатуғынын еситиўдиң орнына, еситип ҳәм айыплайтуғын достымызға қоңыраў қылыўымыз ақсат. Денеңнен бас тартып ҳәм Руўхта жасаўдың орнына бизлер аўырыўды аш көзлик ҳәм уйқы менен жасырыўға ҳәрекет еткенимиз жеңилирек. Өзиңди бойсындырып ҳәм Қудайды излеп, өзиңниң ғәзебиң ушын адамлардан кеширим сорағаннан, өзиңниң сезимлериңди телевизордың шаўқымы менен басқан жеңиллирек. Қудайдан келип шыққан машқаланың: бәлким, бул бизиң миннетдар болмаўымыз, талапшаңлығымыз ямаса қатты өкпениң себебин сорағаннан, депрессияға қарсы белгили дәри қутысын сатып алған жеңил. Дүньялық усыллар айырым жеңилликлерди алып келиўи мүмкин, бирақ ҳәммесинен бурын олар жеткиликсиз болады ҳәм олардың тәсири тез тамам болады. Бундай ўақытларда бизлердиң терең мүтәжликлеримизди тек «ҳәмме нәрсеге жубаныш Қудай» қанаатландыра алады.
Мен басқа барлық усыллар гүналы деп айтажақ емеспен. Еки мектеп жасындағы ҳәм жаңа туўылған балалары бар жас анаға, бәлким, уйықлаў керек шығар. Айырым ўақытлары өз гезегинде эмоционаллық ҳәм руўхый жағдайды жақсылайтуғын бизлердиң өзимизди сезиўимизди азықланыўды өзгертиў жақсыланыў мүмкин. Депрессияның айырым симптомларын физикалық шынығыўлар менен ҳәлсиз етиў мүмкин. Бизлерди досларымыз жигерлендириўи мүмкин, әсиресе, егер олар бизлерге ҳақыйқатлық ҳаққында еслеткенде. Депрессияның себеби болған аўырыўды доктор таўып, емлей алады. Бирақ денелик ҳәм руўхый машқалаларды шешиў ушын тәжирийбелилерге ҳәм дәрилерге мүражат етиўге бейимлилик миллионлаған ҳаялларды кеўил қалыўға, ақшасыз қалыўға, керек емес дәрилерди ишиўге ҳәм алдынғыдан жаман аўҳалда болыўға алып келеди.
Тағы Яқып бузылған жүректиң шыпаланыў барысында әҳмийетли ролди Масихтың Денеси — жәмәәт атқаратуғынын айтады.
Кейинги бир неше жылда түрли эмоционал ямаса психикалық бузылыў менен аўырған адамларға тек «тәжирийбеликлер» жәрдем береди деп ойлаў қабылланған. Айырым пасторлар да өзлерин бундай адамларға жәрдем бериў ушын жетерли билмейтуғындай сезеди, ал соның ушын оларды тәжирийбели психологларға, психиатрларға ямаса психотерапевтлерге жибереди.
Бул тәжирийбели таярланған адамлар пайдасыз, егер, әлбетте, олардың кеңеси Қудайдың сөзине ҳәм Оның ўақыяларына тийкарланса дегенди билдирмейди. Бирақ, келиң Қудайдың Масихтың Денесин қапаланған, мүтәж адамларға бериўине нийет еткенин уматпайық. Бизлер Қудайдың сөзи менен аўырып атырған адамлардың жараларын «емлеўди» үйрениўимиз керек.
Демек, Яқып, егер сизлер азап шексеңиз, егер жаныңыз аўырса, Масихтың Денесине өзиңизди Ийсаның аты менен жарылқаўына рухсат етиң деп айтады. Сизлер дуўа етип болғаннан кейин инициативаны өз қолыңызға алың ҳәм мүтәжиңиз ҳаққында досларыңызға айтың — айрықша сизиң руўхый жетекшиңизге — өзиңиз ушын дуўа етиўин сораң. Өзиңиздиң эмоционаллық ҳәлсизлигиңиздиң ямаса аўырыўыңыздың себеби болыўы мүмкин болған гүнаға тәўбе етиң ҳәм Масихтың Денеси алдында жуўапкершиликти алың.
Сөз бизлердиң сезимлеримиз ҳаққында кетсе, бизлер өзгермейтуғын жақсы кейпияттың масихый өмирдиң соңғы мақсети емеслигин есте тутыўымыз керек. Қудай Өзиниң изине ергенлер барлық «жаман» сезимлерден азат деп ўәде бермейди. Керисинше, бизлер қанша көп жерлик денеде жасасақ, аўырыў ҳәм қыйыншылықлар жолымызда сонша көп ушырасады.
Кейинги бапта бизлер өмиримизде ҳәммеси «жақсы» болыўына емес, ал Қудайды алғыслаўға ҳәм Оның қутқарыўшы мақсетиниң орынланыўына қарсы болмаўға талпыныўымыз кереклигин көремиз. Басқа ҳәмме нәрсе өтеди. Ҳақыйқый қуўаныш тек бул мақсетке садықлықты сақлаўда.
ӨТИРИК
32. ЕГЕР МЕН БИР НӘРСЕ СЕЗСЕМ, ДЕМЕК, БУЛ РАС
ҲАҚЫЙҚАТ
• Мениң сезимлериме бәрҳа исениўдиң кереги жоқ. Олардың көбинесе ҳақыйқатлық пенен улыўмалығы жүдә аз ҳәм мени олар алдаўы мүмкин.
• Мен ҳақыйқатлыққа туўры келмейтуғын сезимлердиң қәлегенинен бас тартыўым керек.
ӨТИРИК
33. МЕН ӨЗИМНИҢ СЕЗИМЛЕРИМДИ БАСҚАРА АЛМАЙМАН
ҲАҚЫЙҚАТ
• Сезимлерим мени басқармаўы керек.
• Мен ҳақыйқатлық үстине пикирлеўге, ҳақыйқатлыққа бойсыныўдағы барлық пикирди өзиме тартаман ҳәм Қудайға сезимлеримди басқарыўға жол қойыўға шешим қабыллай аламан.
ӨТИРИК
34. МЕНДЕ ГОРМОНАЛЛЫҚ ЖЫЙНАЛЫЎ БОЛҒАНЫНДА, МЕН ӨЗИМЕ ЖУЎАП БЕРЕ АЛМАЙМАН
ҲАҚЫЙҚАТ
• Қудайдың мийрими менен мен өзлигимнен сезимлеримнен ғәрезсиз Оған қулақ асыўға шешим қабыллай аламан.
• Гүналы қылықларыма, адамларға надурыс қатнасыма ҳәм қаталлығыма ақланыў жоқ.
• Мениң өмирлик (физикалық ҳәм эмоционаллық) дәўирлерим, мени жаратып, мен ҳаққымда ғәмхорлық етип ҳәм мениң өмирим ҳаққында ҳәммесин билетуғын биреўдиң нәзери астында турыпты.
ӨТИРИК
35. ДЕПРЕССИЯНЫ ҲӘММЕСИНЕН АЛДЫН ДӘРИ-ДӘРМАҚ ПЕНЕН ЕМЛЕЎ ҲӘМ/ЯМАСА ПСИХИАТРҒА БАРЫЎ КЕРЕК
ҲАҚЫЙҚАТ
• Депрессияның физикалық ҳәм эмоционаллық симптомлары шешиў зәрүр болған руўхый машқалалардың ақыбети болыўы мүмкин.
• Егер мениң депрессиям физикалық сорамшақлықты қоздырмаса, онда дәри-дәрмақлар мени азаптан көп ўақытқа азат ете алмайды.
• Мен өзимди бәрҳа жақсы сезиўим керек деп айтатуғын нызам жоқ. Сезимлеримнен ғәрезсиз мен Қудайға миннетдаршылық билдире аламан, Оны тыңлап ҳәм адамларға хызмет ете аламан.
• Қудайдың жарылқаўы, Мухаддес Руўх, Сөз, Оның бейиши, Масихтың Денеси — буның ҳәммеси толығы менен бизлердиң эмоционаллық мүтәжимизге жуўап береди.
1. Қудай менен КЕЛИСИҢ.
Өзиңиз ҳаққында қандай өтирикке исендиңиз?
2. Жуўапкершиликти өзиңизге АЛЫҢ.
Бул өтирикке исениў сизиң жасаў образыңызға қалай тәсир етти (сизиң қатнасыңыз ҳәм ҳәрекетиңиз)?
3. Ҳақыйқатты ЖӘРИЯЛАҢ.
Төменде келтирилген ҳақыйқатлықтың ҳәр бирин даўыслап оқың. Усылардың қайсысы ҳәзир сиз ушын айрықша әҳмийетли?
Өзиңиздиң ақылыңызды Қудайдың сөзи менен жаңартың. Даўыслап келеси үзиндилерди оқың. Бул аятлар қалай сизлерге өзиңиздиң сезимлериңизди басқарыўды усыныс етеди?
Филип 4:4-8
Колос 3:1-4
Ийшая 26:3-4
Ийшая 50:10
4. Ҳақыйқат тийкарында ҲӘРЕКЕТ ЕТИҢ.
Өмириңиз ҳақыйқатлыққа туўра келиўи ушын қандай адым атыўыңыз керек?
5. Ҳақыйқатта жүриўиңиз ушын Қудайдан жәрдем СОРАҢ.
ТОҒЫЗЫНШЫ БАП
ҲАЯЛЛАР ИСЕНЕТУҒЫН ӨТИРИК…
…ӨМИРДИҢ ЖАҒДАЙЛАРЫ ҲАҚҚЫНДА
Бул «ең жаман күнлердиң бири» болды. Сизлерде мүмкин усындай — ҳеш нәрсе келиспей атырған күнлер болған шығар. Бәлким, сиз бул ҳаққында Джудит Ворсттың «
Мен аўзымда сақыш пенен уйықлап қалдым, енди ол мениң шашларымда, ал мен бүгин азанда кроваттан турғанымда, билместен скейтбордты басып алдым, ал кейин кран ашық турғанда раковинаға свитеримди түсирип алдым… және мен өзимде қәўипли, ақмақ, түсиниксиз күн болғанын дәрриў түсиндим.
Ҳәм ол ҳақ еди. Александр мектепте жаман күнди өткерди, тис докторына ҳәм аяқ-кийим дүканына қурдан-қуры барды. Бул еле ҳәммеси емес.
Түсликке фасоль болды, ал мен фасольды жаман көремен.
Көк экранда сүйисти. Ал мен сүйискенди жаман көремен.
Ванныда суў жүдә ыссы еди, сабын көзиме кирип кетти, пижамамды кийиўиме туўра келди. Оны жақсы көрмеймен.
Мен уйықлаўға жатқанымда, өзи саўға еткен көпшигин Ник алып қойды, ал және Микки Маустың түнги лампочкасы күйип кетти, және мен тилимди тислеп алдым.
Пышық мениң менен емес, ал Энтони менен уйықлаўды қәледи.
Бул қәўипли, ақмақ, түсиниксиз күн болды.
Ким ашыўланған баланы, күн ақырында гүрсинип ҳәм: «Өсип алайын, дәрриў Австралияға көшип өтемен», — деп айтқаны ушын айыплай алады.
Александр — усыны басынан өткергенлерден жалғыз емес. Бәлким, ҳәр бириңизде Қудайдың адамсыз атаўға алып барыўын қәлеген ўақтыңыз болған шығар!
Бирақ дәл усы ҳаққында бир күни забур жырлаўшысы дуўа еткен еди. Оған өзине ҳәмме нәрсе қарсыдай түйилди, бул аўыр болды:
Және ол былай деди: «ким маған кептердикиндей қанат берер еди? Мен ушып кетер едим ҳәм тынышланар едим… дүбелей ҳәм даўылдан паналаўға асығар едим».
Қудай жерди жаратқанда Ол оған қарады ҳәм: «Жақсы», — деп айтты. Барлық әлем, кишкене молекуладан үлкен галактикаға шекем әжайып тәртипте орналасқан. Дүньяда толық келисимлик патшалық етти. Уялыў, аўырыў, тартыс, кеўил қалыў болмады.
Бизлер Адам-ата ҳәм Ҳаўа-енениң әжайып дүньядан рәҳәтленгенин билемиз. Олардың биринши үйине Марта Стюарттың да ҳәўеси келер еди.
Ҳәммеси әжайып еди. Ҳеш нәрсени қайта ислеўдиң кереги жоқ еди. Ҳеш ким ҳеш жерге кешикпеди. Шаршамады ҳәм ашыўланбады. Ҳеш ким қапа болмады ҳәм қапа қылмады ҳәм ҳеш ким судласпады. Доктор, жақлаўшы, психолог ямаса сексопатологияға мүтәжлик жоқ еди.
Бирақ буның ҳәммеси Ҳаўа-енениң шайтанның өтиригин еситип, оның менен келискенинен баслап өзгерди. Енди таяр ҳалында өним берген жерди, тикенлерлерден тазалаўға, қандай да азықты өсириў ушын тер аққанша қайта ислеўге туўра келеди. Балалардың туўылыўы қуўаныш ретинде ҳәм ҳаялдың өмириниң ең тәбийий бөлимин ретинде, нийет етилген еди, бирақ енди оны толғақ ҳәм аўырыўды басынан өткериў күтип тур.
Тикен ҳәм аўрықлы бала туўыўға қосымша адамлардың өмиринде және:
Дүньяға кирип келген өтирик, өзиниң изинен белгили ақыбетти алып келди. Стакан суўға тамған бир тамшы бояў суўдың ҳәммесин бояғаны сыяқлы гүна да адамлардың өмирин ҳәм олардың жасайтуғын жерин «дақлайды».
Көпшилик адамлар кеўил қалыў, ашыў ҳәм қапаланыўды басынан өткереди, себеби гүнадан қулағаннан кейин бул дүньяда қашып қутыла алмайтуғын өмир жағдайлары ҳәм қайғылар ҳаққындағы өтирикке исендик.
Көп жыллар алдын еки жасар бала ҳәм бир жыллық егизеклердиң анасы маған: «Бул егизеклер туўылмастан алдын мен шыдамлы адам едим!», — деп наразылығын айтқаны мениң есимде. Бул ҳаял жердеги көпшилик адамлар сыяқлы, бизлерди өмирдиң жағдайлары қәлиплестиреди дегенге исенетуғын еди.
Бул алжасық — барлық ислер тек аўыр жағдайларда, дәл олар бизлердиң жаман кейпиятымыз ушын айыплы деп есаплаў. Бәлким, сизлер мен сыяқлы қашан болса да: «Ол мениң ашыўыма тийди», — деп айтқан шығарсыз. Ал ҳақыйқатында мынаны нәзерде тутқан шығарсыз: «Улыўма мен Руўхқа толған мийримли, мүләйим, сүйетуғын, устамлы ҳаялман. Бирақ… ол сондай нәрсени иследи, сизлер исенбейсиз!».
Бизлер: «Егер балам фенге суў қуймағанында ҳәм қонақ жайдағы мебелдиң ҳәммесин сары май менен соқпағанда! Мен өзимди бийлеп тураредим», — деп айтамыз.
Ямаса: «Егер мениң ата-анам балалығымда маған бәрҳа урыспағанында ҳәм мен ҳеш ким емеслигиме исендирмегенинде. Мениң некем бахытлы болар еди».
Ямаса: «Егер күйеўим меннен басқа ҳаялға қашпағанында. Мен бундай бахытсыз болмас едим».
Бизлер: «Мениң усындай болыўыма адамлар ҳәм шараят айыплы», — деп айтамыз. Бизлер егер өмиримиздиң жағдайлары басқаша болғанда (тәрбия, әтираптағылар), бизлер өзлеримиз басқа адам болар едик деп ойлаймыз. Бизлер сабырлырақ, сүйиспеншилик, қанаатланған болар едик ҳәм бизлер менен жасаў жеңил болар еди.
Егер ҳәммесинде шараятлар айыплы болса, онда бизлер қурбанбыз. Душпан дәл усыны бизлерге исендиргиси келеди. Бизлер қурбан болсақ, онда өзимиздиң ис-ҳәрекетимизге жуўап бермеймиз, себеби бизлер өзимизди өзгерте алмаймыз. Бирақ Қудай — бизлер басқалардың гүнасы ушын емес, ал өзимиздиң оларға ҳәм өзимиздиң өмиримизге жеке қатнасымызға жуўапкер екенимизди айтады.
Ҳақыйқатында шараятлар бизлерди өзгертпейди. Олар тек бизлердиң ҳақыйқый жүзимизди ашады. Сол қапаланған ана бәрҳа сабырсыз болғанын түсинбейтуғын еди. Бирақ, Қудай оның ҳақыйқый барлығын көрсетип ҳәм оны өзгертетуғындай жағдайлар жаратпағанша ол буны түсинбеди.
Душпан тек егер өмиримиздиң жағдайлары өзгерсе бизлердиң өзгериўимиз мүмкинлигине бизлерди исендиреди. Бизлер: «Егер болғанда» атлы ойынын ойнай баслаймыз:
Егер бизлер тек көшкенде…
Егер бизлер тек ата-анамызға жақын жасағанымызда…
Егер бизлердиң тек үйимиз үлкен болғанда (көбирек шкаф, көп орын)…
Егер бизлерде тек ақша көп болғанында…
Егер мениң тек күйеўим жумысты аз ислегенде…
Егер мен турмысқа шыққанда…
Егер мен турмысқа шықпағанда…
Егер мен басқа биреўге турмысқа шыққанда…
Егер менде балалар болғанда…
Егер менде буншелли бала болмағанда…
Егер мен баламды жойтпағанымда…
Егер мениң күйеўим қатнас жасап билгенде…
Егер мениң күйеўим руўхый жетекши болғанда…
Бизлер басқа шараятта бахытлырақ болатуғын едик деп алданамыз.
Бирақ егер бизлер ҳәзирги шараятта бахытсыз болсақ, онда бахытқа улыўма ерисе аламыз ба.
Елиў жаслы XIX-әсирде жасаған жазыўшы Элизабет Прентисс, күйеўиниң таза жумыс алғанын ҳәм оларға Нью-Йорктан Чикагога көшиўге туўра келетуғынын билди. Көшиў барлық дослар менен хошласыўды билдиретуғын еди ҳәм ҳәлсиз ден-саўлыққа қәўипли еди. Достына хатында ол былай жазады:
Бизлер тек Қудайдың еркин билиўди қәлеймиз… Өткен қыстағы кеширмелер мени жасаў орны ҳәм дәрежесиниң бахыт пенен улыўмалығы жоқ екенине үйретти. Бизлер қәсирде де улыўма бахытсыз болыўымыз мүмкин, бирақ жер төледе болса да кеўлимиз толыўы мүмкин… бәлким. Бул аўырыў бизлердиң… бизлер бул жерде жолаўшы ҳәм келгинди екенимизди еслеўимиз ушын керек шығар.
Джордж Вашингтонның ҳаялы Марта досты Мерси Уорренге хатында мынадай исенимди көрсетти:
Мен бәри бир қәлеген жағдайда қуўанышлы ҳәм бахытлы көриниўге ҳәрекет етемен, себеби бизлердиң бахытымыз ямаса бахытсызлығымыз көбирек шараятқа қарағанда руўхымыздың жайласыўына ғәрезли екенин билдим. Бизлердиң жанымызда ана я мына туқымлар да жатыр.
Елши Павел, қуўана алатуғын, кеўли толған ҳәм қәлеген шараятта жемисли мийнет ете алатуғынын түсиндик, соның ушын оның қуўанышы ҳәм әўмети тек сүйиспеншиликтен ҳәм Қудайға садықлықтан ҳәм сондай-ақ оның Қудай менен қатнасынан ғәрезли. Мине не ушын Павел былай айта алды:
…Өйткени мен ҳәр қандай жағдайда да барыма қанаат етиўге үйренгенмен. Жоқшылықта да, молшылықта да, жасаўдың не екенин билемен. Ҳәр қандай аўҳалда да: тоқшылықта ҳәм ашлықта, молшылықта ҳәм мүтәжликте жасаўдың сырын үйрендим.
Павел бизлердиң бәрҳа шараятларға тәсир ете алмайтуғынымызды. Бирақ олар бизлерге тәсир етиўи керек емеслигин түсинетуғын еди.
Бизлер өзлеримиздиң өмиримиздеги қәлеген қыйыншылықты дүзете алатуғын дана, сүйетуғын, уллы Қудайға исене аламыз. Қуўаныш, тынышлық ҳәм сапластырыў — бизиң өмиримзде жүз берместен алдын ҳәр бир ўақыя сүйиўши Әкениң қолынан өтетуғынына ҳәм Оның мәңгилик нийетиниң бөлеги болып есапланады исениўшиликтиң жемислери.
Көпшилик заманагөй ўазшылар гүнакарларға шексиз тынышлық, қуўаныш, аспанда үй ҳәм Ийсаға келиўден бул өмирде әўмет болады деп ўәде етеди. Шәкиртликке ҳәм атанақты тартыўға шақырыўдан айрылған бундай тәлим, жумсақ денели, өмирдиң соғысларында қатнасыўды қәлемейтуғын ерксиз «шәкиртлердиң» пүтин әўладын жаратты. Олардың жолында сынақ ҳәм қайғылар ушыраған ўақытта, олар наразылық билдиреди, тоңқылдайды ҳәм қашады.
Бизлерди қайғыларымызға ылайықлы емеслигимизге исендирип, душпан бизлерди Қудайға өкпелеўге ҳәм Оның минсиз ерки ҳәм мақсетине қарсы болыўға мәжбүр етеди.
Бирақ Ийемиз Ийса ҳәм Оның изинен ерген елшилер бизлерди өз атанағымызды алып жүриўге шақырады. Бул урысқа шақырыў еди, бул азап шегиўге шақырыў еди.
Елши Павел азап шегиў — ҳәр бир исениўшиде болатуғын қарсылық: «…Қудайдың Патшалығына кириўимиз ушын көп қыйыншылықлардан өтиўимиз керек» екенин үйретеди (Елшилер 14:22).
Қытайда коммунистлер басқарыўға келгенде Артур Мэтьюз сол жерде елши еди (1938 жылдан 1949 жылға шекем). Ол сол жыллардағы Қытайдағы соңғы елшилердиң бири болды. 1953-жылы ҳаялы ҳәм қызы менен төрт жыллық үй арестинен кейин Қытайды таслап кетти. Оның китаплары өзиңнен бас тартыўға таярлықты ҳәм қыйыншылықта да Қудайдың изине ериўди, батырлықты сәўлелендиреди:
Бизлердиң жобаларымыз ҳәм қолайлықларымызға қалай тәсир етиўи мүмкин деген көз-қарас пенен қарайтуғын өмир жағдайларына бейимлескенбиз. Усының тийкарында бизлер шешим қабыллаймыз. Бизлердиң алдымызда машқала турғанда, болып атырған нәрсеге Оның пикирин билиў ушын емес, ал бизлери қолайсызлықлардан азат етиў ушын Оннан илтимас етиў ушын. Қудайға жуўырамыз бизлердиң үйимизге келген апат… арқалы орынланатуғын Қудайдың мақсетине қарағанда қолайлық бизлер ушын әҳмийетлирек.
Қашқынлар әўлады ҳақыйқатлықтан Қудайдың жарылқаўының дәлийли-бул қәўипсизлик, әўмет ҳәм физикалық жақсылық деп есаплайды. Соның ушын бизлердиң өмиримизде азап ҳәм қайғылар пайда болғанда, бизлер Оның сыбырлысын түсинбеймиз ҳәм Оның нийетлерин надурыс талқылаймыз.
Егер бизлер Қудайға исенбесек ҳәм Оның жақсы нийетлерине исенбесек, онда әлбетте қайғыларға қарсы боламыз. Бирақ, XYII-әсирдиң пуританлы жазыўшысы Уильям Лоудың бизлерди исендиргениндей, бизлер азап шегиўди жарықлыққа жол ҳәм Қудайға еле де көбирек жақынлаў сыяқлы қуўаныш пенен қабыллаўды үйрениўимиз керек:
Ҳәр бир апат, кеўил қалыў, аўырыў, қолайсызлық, азғырылыў, қараңғылық ҳәм жалғызлықты өзиң ушын өлиўге жарылқанған ҳәм Өзинен бас кешкен, азап шегип атырған Қутқарыўшыға жақынлықты сезиў мүмкиншилиги сыяқлы қуўаныш пенен қабылла.
Қудай ўақытша бахытқа қарағанда, бизлердиң минсизлигимизге көбирек талпынады. Ол, егер бизлер минсиз болмасақ, онда ҳеш қашан ҳақыйқый бахытқа ерисе алмайтуғынымызды биледи.
Азап шекпей мухаддес болыў мүмкин емес. Ийсаның Өзи де жерде болғанда қандай да түсиндирип болмайтуғын образда «азап шегиў арқалы минсиз» болды (Еврей 2:10) ҳәм «Ол Қудайдың Улы болса да шеккен азаплары арқалы бойсыныўды үйренди» (Еврей 5:8). Бизлер Ийсаға уқсағымыз келетуғынын тастыйықлаймыз, бирақ буған ерисиўимиздеги жалғыз мүмкиншилигимизден бас тартамыз.
Жаңа Келисим китабының барлық авторлары, қайғысыз бизиң өмирмизде жарықлық ҳәм қутқарылыў жемиси пайда болмайтуғынын мойынлайды. Петр қайғы тек таңланған мухаддеслер ямаса азапланғанларға арналмаған, ал ҳәр бир Қудайдың баласына арналған бизлердиң хызметимиз: «Өйткени Қудай сизлерди усы ушын шақырды. Масихтың Өзи сизлер ушын азап шегип, Оның изинен жүриўиңиз ушын өрнек көрсетти» (Петрдиң 1-х 2:21). Ҳақыйқый қуўаныш — аўырыўдың жоқлығынан емес, ал жарық ететуғын, бизлердиң қайғыларымызда Ийемиз Ийсаның барлығында услайтуғынындай. Бул барыс күнлер, жыллар, айлар ямаса жыл бойы созылыўы мүмкин, бирақ бизлерде Оның бейиши бар:
Пүткил мийримниң тийкары болған Қудай сизлерди Ийса Масих арқалы Өзиниң мәңгилик салтанатына шақырды. Қысқа ўақыт азап шеккениңизден соң, Ол сизлерди Өзи жетилистиреди, беккемлейди, күш-қуўат береди ҳәм тыянақлы қылады.
Бул өтирик көпшилик ҳаялларды үмитсизлик ҳәм қапашылықтың қараңғылығына тартады.
Бирақ, сизлердиң аўырыўыңыз, физикалық азап болса да жолдан адасқан баланың келтирген зорлық, қыйын неке ямаса аўырыў ҳаққында еслеў узақ даўам етиўи мүмкин, бирақ мәңгиликке даўам етпейтуғыны анық. Ол усы жердеги пүткил өмириңизде даўам етиўи мүмкин. Бирақ пүткил өмир де — бул еле мәңгилик емес.
Бизлер Қудайды көрген ўақтымызда қапашылықлар умытылады.
Бир неше күн алдын бир ҳаял қоңыраў қылды ҳәм кеңес сорады: оның некесинде аўыр машқала пайда болды. Ол шаңарағында қашан тынышлық болғанын да умытқан ҳәм өзгерислерге үмити жоқ еди. Бул таң қаларлы ҳаялдың айтқанлары сондай тәсир етти: «Егер бул пүткил өмиримде даўам етсе, онда ҳеш қорқынышлы жери жоқ. Мен ўақыттың қысқа екенин, ал мәңгилик шексиз екенин билемен. Бир күни пүткил өмиримиз бизлерге экрандағы кишкене дақтай болып көринеди». Ол тәғдирине көнген адам сыяқлы сөйлемеди. Ол ҳәммеси өзгергенин қәлейди, бирақ бул жағдайға мәңгилик көз-қарасы менен қарайды ҳәм бул оған тазаланыў отынан өткенде де садық қалыўға жәрдем береди.
Басқа ҳаял көп жыллар алдын конференциядан кейин маған келип: «Мен сизге күйеўине шәртсиз садықлық ҳаққында айтқаныңыз ушын миннетдаршылық билдиргим келеди», — деп айтты. Кейин ол маған өзиниң ўақыясын айтып берди. Мине қырық жылдан бери ол жүдә жаман адамның өмирлик жолдасы. Ол: «Усы жылларда көплеген адамлар, масихыйлар да, маған оның менен ажырасыўға кеңес берди. Бирақ қандай да тақылетте Қудай бәрҳа мени тойымызда берген антыма қайтаратуғын еди ҳәм мен күйеўимнен кетиўге ҳақым жоқ деп билетуғын едим», — деп айтты. Азмаз үндемей, ол даўам етти: «Мен күтиўди шешкеним ушын қуўанышлыман. Көрип турсыз, бир жылдан алдын күйеўим ақырында исенимге келди ҳәм Қудай оны өзгертип атыр. Және бул еле ҳәммеси емес, — деди ол көз жасы менен, — сизлер бул азаптың мени қандай өзгерткенин көз алдыңызға келтире алмайсыз».
Машқала бизлердиң Жер шарына соншелли байланғанымызда ҳәм бизлердиң көпшилигимиз ушын қырық жыл — бул пүткил мәңгилик болғанында! Бизлер буншелли узақ қайғыны көз алдымызға келтире алмаймыз. Егер бизлер қырық жыл — ямаса оннан да көп — мәңгиликке негизленгенде ҳеш нәрсе емес екенин көргенимизде еди!
Бизлердиң қайғымыздың қаншелли уқзақ созылыўынан ғәрезсиз, Қудайдың сөзи бизлерди оның мәңги даўам етпейтуғынына исендиреди.
Сонлықтан руўхымызды түсирмеймиз… Өйткени ҳәзирги өткинши ҳәм арзымас қыйыншылықларымыз бизлерге ҳәдден тыс уллы ҳәм мәңгилик даңқ алып келеди. Бизлер көзге көринетуғын қыйыншылыққа емес, ал көзге көринбейтуғын уллылыққа қараймыз. Себеби көзге көринетуғын [бизлердиң ҳәзирги қыйыншылықларымыз] өткинши, ал көзге көринбейтуғын [бизлерди күтип турған уллылық] мәңги болады.
Мениң ойымша, ҳәзирги қыйыншылықлар келешекте бизлерге берилетуғын уллылыққа салыстырғанда ҳеш нәрсе емес.
…Кеште жыласаң, ал азанда қуўанасаң.
Сизлердиң көз жасыңыз айлар ҳәм жыллар даўам етиўи мүмкин. Бирақ егер сизлер Қудайдың балалары болсаңыз, бул мәңги даўам етпейди. Қудай сизиң қайғыларыңыздың ақырын аның белгиледи ҳәм ол Оның керек деп есаплаған ўақтынан бир минут артық созылмайды. Қудай Өзиниң мухаддес, мәңгилик мақсетлерине жеткенде қыйыншылықлар тамам болады.
Бул өмирде бәри бир жеңиллениў келмейтуғын жағдайларда Қудайдың сөзи бизлерге бир күни барлық қайғылар тамам болады, исеним көринетуғын болады, қараңғылық жарықлыққа айналады ҳәм бизлердиң садықлығымыз шексиз қуўаныш пенен сыйлықланатуғынына жүзлеген ўәделер береди. Ол әжайып күнниң биринде… ўәде береди:
…шөлистан ҳәм қурғақ жер қуўанады; ҳәм адамсыз ел қуўанады ҳәм нарцисс сыяқлы гүллейди…<…> Қудайдың азат еткенлери қайтады, Сионға қуўанышлы бақырыслары менен келеди; ҳәм олардың басында мәңгилик қуўаныш болады; олар қуўаныш ҳәм шадлық табады, ал қайғы ҳәм туншығыў жоқ болады.
Қараңғылықтың күши қаншелли қалыңласпасын, кейинги бап әллеқашан жазылған — ҳәм жеңис Қудай тәрепте! Келешекке исеним бизлерге үмит ҳәм жасаўға күш береди.
Мине бизлерди шайтанның исендиргиси келген ҳәм буған бар күшин жумсайтуғын және бир өтириги. Себеби ол бизлердиң усылай үмитимизди жойтатуғынымызды ҳәм бәрҳа әўметсизликте болатуғынымызды биледи. Бир ҳаял былай жазды:
Айырым ўақытлары ҳәммемизге енди бундай жасаў мүмкин еместей көринеди. Шайтанның қәлеген өтириги алдында жеңистиң гилти — өтирикке қарсы туратуғын ҳақыйқатлық. Бизлердиң сезимлеримиз ҳәм қыйыншылықларымызға қарамай Қудайдың сөзи: «Мениң жарылқаўым саған жетеди…», — деп айтады (Коринф 2-х 12:9). Арамыздаға көпшилик бул аятты биледи. Бирақ гәп сынақ ҳәм өмирдиң қыйын шараятларына келгенде азырағы буған исенеди. Бизлер басқа шыдаў мүмкин емес екенине исенемиз.
• Мен аўырыў баламның кроваты алдында және бир уйқысыз түнди көтере алмайман.
• Мен енди күйеўим менен жасай алмайман.
• Егер және бир мәрте енем мени қорласа, мен өзимди тута алмайман.
• Мен үш жас өспиримлер ҳәм аўырыў анама қарайтуғындай аўҳалда емеспен.
Бирақ, егер мен Оның баласы болсам, онда екенине мен исениўди қәле қәлемейин. «Оның жарылқаўы мен ушын жетерли». (Әлбетте, бир шәрти менен, мен өзиме зыят ўазыйпалар көмбесем. Егер оларды маған Қудай берсе, онда мен Оның мийрими бойынша оларды орынлай аламан). Оның жарылқаўы ҳәр бир ўақытта, ҳәр бир қыйыншылықта, ҳәр бир исте, ҳәр бир мүтәжликте ҳәм өмирдеги ҳәр бир әўметсизликлерде жетерли.
Мен шаршағанда ҳәм барлық жумысларды тамамлай алмайтуғынымды ойлағанымда, Оның жарылқаўы мен ушын жетерли.
Жақын адамым ямаса кәсиплеслерим мениң ашыўыма тийгенде Оның жарылқаўы мен ушын жетерли.
Мен ашыўымды әтираптағыларға шашқым келгенде, Оның жарылқаўы мен ушын жетерли.
Мен және бир азғырылыўға берилиўге ҳәм зыят пирожныйды жеўге таяр болғанымда, Оның жарылқаўы мен ушын жетерли.
Мен өзимниң шаңарағымды бузғанымда ҳәм өзимди жаман, жаўыз тутқанымда, Оның жарылқаўы мен ушын жетерли.
Мен не ислеримди ямаса қандай шешим қабыллаўды билмегенимде, Оның жарылқаўы мен ушын жетерли.
Жүрегим қорқынышлы жоғалтыў ямаса қайғыдан айрылғанда, мен жақын адамымның қәбиринде турғанымда, Оның жарылқаўы мен ушын жетерли.
Қудайдың жарылқаўы не ушын керек? Сизиң балаңыз Қудайдан кетти ме? Сиз аўырыўсыз ба? Сизди күйеўиңиз сүймей ме? Кейинги айға квартира ушын төлеўге ақшаны қай жерден алыўды билмейсиз бе? Жумысты жойыттыңыз ба? Жаңа ғана басқа қалаға көштиңиз ҳәм ҳеш кимди танымайсыз ба? Сизиң ибадатханаңыз бөлиниўди бастан өткерип атыр ма? Сиз жалғызсыз ба? Сизди айып сезими жеп атыр ма? Қандай да дәриге ғәрезлисиз бе? Сизлерде гормонлық жыйналыў ма?
Өзиңиздиң жеке вариантыңызды жазың. Сиз ҳәзир қандай жағдайда болсаңыз да, Оның жарылқаўы сиз ушын жетерли. Оның мүмкиншилиги питпеген, сизлердиң мүтәжиңиз қаншелли үлкен болмасын оларға қол жеткериўге болады. Бул ҳақыйқатлық. Және ол сизлерди азат етеди.
Қәдирли Қудайдың баласы, сениң Аспандағы Әкең сени ҳеш қашан Өзиниң жарылқаўы қолламайтуғын жерге алып бармайды. Ол Саған Өзиниң жарылқаўы менен сениң көтере алатуғыныңнан артығын бермейди. Жол саған жүдә үлкен болып көринсе, турақлы бол. Көзиңди аспанға көтер. Ҳәр бир қайғы таўсылатуғын күн келетуғынын есле. Сен Оның алдында турғаныңда, бул өмирдиң барлық көз жаслары ҳәм қайғылары Оның уллылығының нурында жарқырайтуғынын бил. Сен әлбетте: «Оның әжайып жарылқаўы мени үйге алып барды», — деп айтасаң.
Мениң столымда еки рекламалы дағаза жатыр: бириншиси-концелляр буйымларын шығарыўшы үлкен компаниядан, екиншиси-дүканлар тармағынан. Бул дағазаларда мынадай сөзлер бар:
Ең баслысы — бул
Бул философия дүнья сыяқлы ески. Себеби Жылан негизинен Ҳаўа-енеге дәл усыны айтты: «Ең баслысы — бул сен». Соннан бери бул тастыйықлаўдан әўметли реклама компанияларын соғады.
Бир шайыр, «көпшилик адамлар дүньядағы ең уллы адам деп өзлерин есаплайды. Олардың өмирлери шексиз «мен» темасында турады», — деп айтты.
Бул рас. Өзин пәс баҳалаў ҳаққында барлық сөзлерге қарамастан бизлердиң өмиримиз өзлеримиздиң әтирапымызда айналады: Бул маған қалай тәсир етеди? Мен бахытлы боламан ба? Неге бул мениң менен жүз берди? Ол мен ҳаққымда не ойлайды? Ҳәзир мениң гезегим. Мениң пайым қәне? Мениң не ойлайтуғыным ҳеш кимди толқындырмайды. Ол мениң сезимлеримди қорлады. Өзиме ўақыт ажыратыўыма ўақыт келди. Мени тыныш қойсын. Ол мениң мүтәжлигимди ойламайды.
Бизлерге жеке дүньямыздың орайы болыў жетерли емес. Бизлер басқалар, соның менен Қудай ушын да дүньяның орайы болыўды қәлеймиз. Басқа адамлар бизлердиң алдымызда бас иймегенде ҳәм өзиниң өмирин бизлердиң бахтымызды излеўге ҳәм мүтәжимизди қандырыўға бағышламаған ўақытта бизлер өкпелеймиз ҳәм өзимиздиң өз ойлаған мақсетлеримизге жетиўимизге басқа мүмкиншиликлерди излеймиз.
Ибадатхана — ҳәмме нәрсе адамның емес, ал Қудайдың әтирапында айналатуғын жалғыз орын деп ойлаўды қәлеймен. Бирақ бул бәрҳа ондай емес. Доктор Ларри Крабб өзиниң «
Енди ибадатхананың баслы хызмети адамлар өзлерин сүйикли ҳәм керекли сезиўи ушын жәрдем бериўден турады. Бизлер өзимизден бас кешип ҳәм Қудайға хызмет етиў ушын көп нәрсени қурбан етип, Қудайға бойсыныўға үйренип атырған жоқпыз. Бизлер өзимизден бас тартыўға емес, ал өзимизди көрсетиўге, аўыр еслеўлерден қутылыўға, саў емес ғәрезсизликти жеңиўге, депрессиядан шығыўға, баҳалығымызды көтериўге, адамлар менен қатнаста шегара қойыўға, өзин жек көриў емес, ал өзине сүйиспеншилик пенен қараўға үйренемиз. Бизлер өзимизден уялыўдың орнына өзимизди қабыллаў ҳәм жигерлендириўге үйренип атырмыз.
Адамлардың аўырыўдан азат болыўы ибадатхана ушын әҳмийетли ис болып атыр. Ҳәм бул қәўетерли бағдар…
Бизлер усы аўырыў арқалы Қудайдың минезин ҳәм мақсетин тереңирек билиўдиң орнына машқалаларымыз алып келетуғын аўырыўларды жеңиллетиўге талпынамыз. Қудайды излеўге қарағанда, бизлер ушын өзимизди жақсы сезиў әҳмийетли болып атыр.
Нәтийжеде бизлер қанаатланыўшылық пенен өзимизди сүйикли сезиўге жәрдем беретуғын мухаддес китаплық пикирлер менен келисемиз ҳәм бизлерди жоқары көтерилиўге шақырып атырған Мухаддес Жазыўдағы аятларды шетлеп өтемиз. Бизлер Қудайдың қутқарыўшы сүйиспеншилиги ҳәм бизлердиң Масихтағы орнымыз ҳаққында әжайып ҳақыйқатлықты, өзимизди өзимиз уллылағанымыз ушын кеширим сораўға айналдырамыз. Бизлер ҳақыйқатлықты, өзин жек көретуғын адамларды сүйетуғын дәрежеде мийримли Қудай ҳаққында әжайып ашылысларды, Оны ҳәммесинен жоқары көтериўге ылайықлы Қудай ҳаққында ҳақыйқатлықты көрмеймиз.
…Бизлер ҳақыйқатлықтың орынларын өзгерттик, сонлықтан Қудай енди ҳүрметке ылайық, себеби Ол бизлерди қәдирледи. «Ылайықлы Қозы» деп бизлер Оның әжайып жарылқаўына жуўап ретинде айтпаймыз, ал Ол бизлерге ең баҳалы нәрсени бергени ушын: өз-өзимизге унаў мүмкиншилиги. Енди бизлер Қудайдың Өзинен де көбирек керекпиз.
Елши Павел, Қудай бизлер ушын емес, ал бизлер-Қудай ушын бар екенимизди түсинетуғын еди:
Өйткени аспандағы ҳәм жердеги көзге көринетуғын ҳәм көзге көринбейтуғын нәрселердиң ҳәммеси Масих тәрепинен жаратылған: тахтлар, ҳүкимдарлықлар, ҳәкимшилик ҳәм бийликлер, ҳәмме нәрсе Ол арқалы ҳәм Ол ушын жаратылды. Масих ҳәмме нәрседен бурын бар болған ҳәм ҳәмме нәрсе Ол себепли бар болып турыпты. Масих — исениўшилер жәмәәтиниң, яғный, Өз денесиниң басы ҳәм жәмәәттиң тийкары. Ол ҳәмме нәрседен жоқары болыў ушын, өлилер ишинен биринши болып тирилди.
Не ушын Павел рим зинданында Қудайға алғыс айта алды? Қалай ол садық болып қала алды ҳәм оны тас пенен урғанда, ол карабль аўдарылысын бастан кеширгенде, жала жапқанда, дослары ҳәм душпанлары бас тартқанында «бәрҳа қуўана» алды? Аш болған ҳәм шаршаған ўақтында қалай ол «бәрҳа қуўана» алды? Оның сыры, ол өзиниң алдына мақсет қойғанында еди. Ол өзи ушын ҳәм өзин қанаатландырыў ушын жасамады. Дамаск жолында Қудайға қараған ўақтынан баслап ол тек бир қәлеў менен жанды — Қудайдың даңқы ҳәм қуўанышы ушын жасаў. Ол ушын Масихты билиў ҳәм Ол ҳаққында әтираптағыларға гүўалық бериў әҳмийетли еди.
Буған қарамастан, мен өз жанымды аямайман. Тек өз бәйгимди басып өтип, Қудайдың мийриминиң Хош Хабары туўралы гүўалық бериўди, яғный, Ийемиз Ийсаның маған тапсырған исин жуўмақласам болғаны.
Павелде мынадай уран бар еди: «Мен ушын өмир-Масих». Ол бул шешимди қабыллағанда, енди басқасы онша әҳмийетсиз болды.
Жасаў
Қудайдың көз алдында
Қудайдың бийлиги астында ҳәм Қудайдың даңқы ушын.
Мен бул бапты «
Синди узын хатында өзиниң ўақыясын айтып берди. Ол он сегиз жасында турмысқа шықты ҳәм жигирма бир жасқа шекем үш балалы болды. Ол балалығында шомылдырылса да, Синди Ийса Масих пенен туўрыдан-туўры қатнаста болыў дегенди билмейтуғын еди. Ол отыз жаста болғанда, Синди гедеон Мухаддес Китабын таўып ҳәм Қудайдан жәрдем сорап жылаған кеселханада оның анасы рактан өлди. «Сол ўақыттан бери, мен тек бир нәрсени-Қудайды билиўди қәледим, — деп жазады ол».
Кейинги жыллар даўамында оның некеси ҳәм шаңарақтағы өмири аўыр бола баслады. Ол зорлық ҳәм өсектиң бузық шеберине түсип қалды. Оның он төрт жасар қызы үйден қашып кетти, ал еки баласын да бәрҳа я полиция, я мектеп пенен машқала пайда болды. Бир күни Синди оның менен ажырасыўға нийетленип еки ҳәптеге күйеўинен кетти, бирақ Қудай оны күйеўин аяўға үйретти ҳәм ол үйине қайтты.
Шаңарақтағы машқала даўам етти, ал Синди жақын жерде жайласқан, өзи Қудайдың сүйиспеншилиги ҳаққында Хош Хабар ҳәм Ийсаның гүнакарлар ушын өлгени ҳаққында еситкен ибадатханасына бара баслады. Және ол өзиниң жүрегин Масихқа берди.
Үйде жағдай аўырласа баслады. Оның балалары толығы менен қадағалаўдан шықты. Қызы ақыр-ақыбет далада қалды ҳәм усындай етип бир жыл жасады, себеби әкеси бир күни үйге кириўге рухсат етти. Кейин ол турмысқа шықты ҳәм бес бала туўды, ҳәзир жигирма бес жыллық некеден кейин ол ажырасып атыр. Әкеси оның менен сөйлеспеди. Ол ҳәзирге дейин өзиниң ақлықларын ҳәм шаўлықларын көрмеди.
Оның улларының бири армиядағы хызметинен абройы төгилип алыслатылды ҳәм төрт жыл қамақханада өткерди; әкеси оннан да бас кешти, олар көп жыллардан бери көриспеди.
Басқа улы наркоман болды ҳәм ол да армиядан абройы төгилип алыслатылды. Ол адам өлтирди ҳәм жигирма еки жыл қамақханада өткерди. Ол сол жерде тәўбе етсе де, бирақ ҳәзир руўхый сораўларға ҳеш қандай қызығыўшылық көрсетпейди.
Хатының соңында Синди өзиниң жақынларының руўхый мүтәжликлери ҳәм өзиниң шаңарақтағы роли ҳаққында пикирлейди:
Дженни Томпсон — еки жыллық лейкемия менен гүресинен кейин күйеўи Қудайға кеткен жас ҳаял. Оның қолында төрт баласы қалды-ҳәммеси жети жастан киши. Күйеўиниң өлиминен үш ай кейин жазылған жесирдиң хатында, Қудайдың минези ҳәм Оның мақсетлерин терең түсиниўи ашылады:
1998-жылдың гүзинде мениң қәдирли достым ҳәм көптен бери дуўа етиў серигим Дженис Гриссон уйып қалыў ҳәм кейин қолының ҳәммесине таралған қолдың ушларында шаншыўды сезе баслады. 1999-жылдың басында шыпакер оған Шарко аўырыўы раўажланып атырғанын хабарлады. Дженис сол ўақытта қырық еки жасқа баратыр еди ҳәм ол төрт жастан он еки жас аралығындағы төрт баланың анасы еди.
Кейинги он ай даўамында аўырыў алдын бир, кейин ҳәлсизленип атырған денесиниң басқа тәрепине таралды. Бул айларда телефонда сөйлесиўлеринде Дженис өзиниң жағдайын талқылаўды қәлемеди. Ҳәр сапары ол мениң даўысымды еситкенде: «Нэнси, мен сен ҳаққыңда жүдә көп ойлайман! Сен ушын қалай дуўа етейин?», — деп айтатуғын еди.
Сол жылдың октябринде мен сол ўақытта Дженис ҳәм күйеўи жасап атырған Литтл-Роктеги үйине көшип өттим. Бул ўақыт даўамында ол арбаға байланған еди — ол я қолын, я аяғын қозғалта алмады, оның өкпесиниң ярымы ислемегени ушын ол үлкен қыйыншылық пенен сөйлейтуғын еди. Өзиниң барлық апатларына қарамай, бул шаңарақтың Қудайға сондай қарағаны маған және де тереңирек тәсир етти. Мен Дженистиң қайта — қайта: «Қудай бизлерди сондай жарылқады!» — деп айтқаны есимде. Кеш ақырына жеткенде бизлер оның арбасын орап алып, дуўа еттик ҳәм кейин оның жақсы көретуғын гимнлериниң бирин айттық:
Қудайдың минсиз дүньясы дәрьяға уқсайды…
Егер бизлер Оны билсек, онда жүрек қуўанышқа толады, — Ол ўәде еткениндей бизлер Қудайда тынышлыққа ерисемиз.
Кейинги ҳәптеде Дженистиң физикалық жағдайы пәсейе баслады. Ол аўқат ҳәм суў ише алмады ҳәм оны кеселханаға жатқарды. Үйине ол қайтпады. Он үшинши декабрдиң кешинде олардың аўҳалын билиў ушын мен оның күйеўине қоңыраў қылдым. Оның күши қалмаған еди ҳәм ол тек сыбырлап сөйлей алды. «Бирақ ең таң қаларлысы, ол бәрҳа басқа адамлар ушын дуўа етти, — деди Тим». Бир неше сааттан кейин Дженис соңғы демин алды ҳәм Қудайға кетти.
Дженис Гриссом — Қудайды ҳәм балаларын йош иенен сүйип, қалай жасаған болса, солай өлди. Ол ҳеш қашан өзиниң ден — саўлығын, қолайлығын, келешегин баслы деп есапламады. Ең баслысы бәрҳа Қудай еди. Ол тек өмириниң барлық шараятларында Оны қалай уллылаў кереклигине ғам шекти. Оның жалғыз қәлеўи елши Павелдиң қәлеўиндей еди: «…тири болсам да, өлсем де, ҳәр қашан болып келгениндей, ҳәзир де Масихты пүткил барлығым менен уллылаў ушын…» (Филип 1:20 — қа қараң).
Пастордың ҳаялы ҳәм атақлы жазыўшы Сьюзан Хант былай дейди:
Адамның пүткил тарийхы — бул қутқарылыў тарийхы. Мен қутқарылыў ҳаққында пьесаның бас қаҳарманы емеспен. Мениң көринисли сызығымнан пьесаның сүўрети шығады. Онда үлкен емес рол ойнаў, бийшара жеке сахнада жулдыз болғаннан әҳмийетлирек. Бул тамыры менен мәңгиликке кететуғын дүньяның тарийхы. Мен өзимниң ролимди миннетдаршылық ҳәм қуўаныш пенен ойнайман ямаса ҳақыйқатлықтан мәниссиз жеке әҳмийетсиз қысқа пьесамды таңлайман ба?
Ҳақыйқат, сиз пьесада баслы қаҳарман емеслигиңизде. Сондай-ақ мен де. Баслы қаҳарман — Ол. Ҳақыйқат, бәлким, бизлердиң өмиримиздиң шараятын өзгертпеўи мүмкин, бирақ ол сизлерди өзгертеди. Ҳақыйқат сизлерди азат етеди.
ӨТИРИК
36. ЕГЕР ӨМИРДИҢ ҚЫЙЫНШЫЛЫҚЛАРЫ БОЛМАҒАНДА, МЕН БАСҚА АДАМ БОЛАР ЕДИМ
ҲАҚЫЙҚАТ
• Шараят мени сапластырмайды, олар тек маған өзимниң ҳақыйқый жүзимди ашады.
• Егер мен ҳәзирги өмириме қанаатланбасам, онда ҳеш қашан ҳеш нәрсеге қанаатланбайман.
• Бәлким, мен өмиримниң шараятларын қадағалай алмаўым мүмкин, бирақ олар да маған тәсир етпеўи керек.
• Ҳәр қандай қыйыншылықты Қудай Өзиниң сүйиўши қолында мениң өмириме алып келеди.
ӨТИРИК
37. МЕН ҚАЙҒЫРМАЎЫМ КЕРЕК
ҲАҚЫЙҚАТ
• Қайғысыз минсиз болыў мүмкин емес. Бизиң өмиримизде қутқарылыў жемиси болыўы мүмкин емес, егер бизлер қайғыдан өтпесек.
• Бизлер қайғыға шақырылғанбыз.
• Ҳақыйқый қуўаныш — бул аўырыўдың жоқлығында емес, ал бизлерде аўырыў болғанда Ийемиз Ийсаның жақынлығы.
• Қайғы — бул жарықлыққа жол, Қудай менен жақынлыққа жол.
ӨТИРИК
38. МЕНИҢ ӨМИРИМ ҲЕШ ҚАШАН ӨЗГЕРМЕЙДИ — БУЛ ҚАЙҒЫЛАР МӘҢГИ ДАЎАМ ЕТЕДИ
ҲАҚЫЙҚАТ
• Мениң қайғым узақ созылыўы мүмкин, бирақ мәңги емес.
• Маған аўырыў келтиретуғын шараятлар, Қудай Өзиниң мақсетине жеткеннен дәрриў өзгереди.
• Бир күни аўырыў қайғы ҳәм көз жас биротала жоқ болады.
ӨТИРИК
39. МЕН ЕНДИ БУНДАЙ БОЛА АЛМАЙМАН!
ҲАҚЫЙҚАТ
• Мениң жағдайым қандай болыўына қарамастан, Оның жарылқаўы мен ушын жетерли.
• Қудай маған көтере алатуғыннан басқа сынақ бермейди.
ӨТИРИК
40. ЕҢ БАСЛАСЫ — БУЛ МЕН
ҲАҚЫЙҚАТ
• Қудай — ҳәммесиниң басланыўы, ақыры ҳәм орайы. Ҳәммесин Ол жаратты ҳәм Ол ушын. Ол — қутқарылыў ҳаққында пьесаның баслы қаҳарманы.
• Мен өмирим бул баслысы емес. Мен Қудайға қуўаныш алып келиў ҳәм Оған алғыс айтыў ушын жаратылғанман.
1. Қудай менен КЕЛИСИҢ.
Өзиңиз ҳаққында қандай өтирикке исендиңиз?
2. Жуўапкершиликти өзиңизге АЛЫҢ.
Бул өтирикке исениў сизиң жасаў образыңызға қалай тәсир етти (сизиң қатнасыңыз ҳәм ҳәрекетиңиз)?
3. Ҳақыйқатты ЖӘРИЯЛАҢ.
Төменде келтирилген ҳақыйқатлықтың ҳәр бирин даўыслап оқың. Усылардың қайсысы ҳәзир сиз ушын айрықша әҳмийетли?
Өзиңиздиң ақылыңызды Қудайдың сөзи менен жаңартың. Даўыслап келеси үзиндилерди оқың. Бул аятлар сизлерге аўыр, аўрықлы жағдайларды қалай қабыллаўды усыныс етеди? Қудай бул машқаланы қалай көреди?
Филип 4:11-13
Яқып 1:2-5
Коринф 2-х 4:16-18
Коринф 2-х 12:7-10
Ефрей 12:2-11
Аян 21:4-6
4. Ҳақыйқат тийкарында ҲӘРЕКЕТ ЕТИҢ.
Өмириңиз ҳақыйқатлыққа туўра келиўи ушын қандай адым атыўыңыз керек?
5. Ҳақыйқатта жүриўиңиз ушын Қудайдан жәрдем СОРАҢ.
III–БӨЛИМ
ҲАҚЫЙҚАТТА ЖҮРИЎ
ОНЫНШЫ БАП
ӨТИРИККЕ ҚАРСЫ ҲАҚЫЙҚАТ
Бизлер бүгинги масихыйларға тән көплеген өтирик исенимлерди көрип шықтық. Бирақ усының менен душпанның арсеналы жоқ болмайды. Өтириктиң түри көп ҳәм шайтан дәл сизлерге тәсир ететуғын өтирикти таңлайды. Тәжирийбели балықшы сыяқлы ол сыртынан қәўипсиз көринетуғын жемди таңлайды ҳәм қурбанды шақырады. Бизлер неге исенетуғынымыз оған бәрибир, тек ҳақыйқатлыққа исенбесек болғаны. Ҳақыйқат — оның қарсылық ете алмайтуғын жалғыз нәрсе, ол оны дүнья үстинен бийликтен айырады.
Шайтанның өтиригине қарсы болатуғын ҳақыйқатлыққа соңғы рет қарамастан алдын (11-бап), келиң бул китаптағы еки әҳмийәетли пикирди еслейик:
Қуллық бизлердиң шайтанның исендиретуғын өтиригине қулақ асыўымыздан басланатуғынын айтқан едик. Бизиң өмиримизге теле бағдарламалар, фильмлер, намалар, китап ҳәм журналлардан киретуғын дүньялық пикирлеўимизде бизлер ҳеш қорқынышлы нәрсени көрмеймиз. Өтирик көз-қараслар бизлердиң пикирлеў образымызды өзгертетуғынын бизлер түсинбеймиз. Мине не ушын Қудай: «Қудайсызлар кеңесине бармайтуғын, гүнакарлар жолы менен жүрмейтуғын, мазақ қылыўшылардың қатарында отырмайтуғын» (Забур 1:1) адамға айрықша жарылқаўды ўәде етеди.
Бизлердиң рухсатымыз бенен шайтанның өтириги ақылымызға кириўден, бизлер оның үстинде ойлай баслаймыз. Егер бизлер дәрри ў өтирик пикирлеўден бас тартпасақ оған ақылымызға кириўге жол қоямыз, онда ерте ме, кеш пе бизлер өтирикке исенемиз. Бизлердиң сөзсиз болатуғын исенимимиз сәйкес келетуғын ҳәрекетке алып барады.
Бизлердиң қылықларымыздың тийкарында, ақырында қуллыққа алып баратуғын қылықларды сапластырады.
Сандраның гуўалығы өтирикке исениў Қудай ҳәм адамлар менен еркин қатнасты қыйратыўын тастыйықлайды.
Сандра өтириктиң қәўиплилиги ҳаққында ҳәм ҳақыйқатлықтың күши ҳаққында еситкен конференцияда болғанында, оның жүрегинде нур жанғандай болды, онда биринши мәрте үмит пайда болды:
Бул китапты оқып атырып сизлер өтирикке исенип ҳәм онда өзиңиздиң өмириңизди дүзип атырғаныңызды көрдиңиз бе? Егер солай болса, онда сизиң өмириңизде қуллық тараўының бир ямаса бир нешеси бар. Бул сизлерде аўыр, терең әдет болған машқала ямаса сизлерге әҳмийетсиз болған сораўлар болыўы мүмкин. Бәлким, сиз душпанға өмириңиздиң узақ жыллардан бери қутылыўды қәлеген бул тараўларын берген шығарсыз. Бәлким, сизлер биринши мәрте усындай машқаланың бар екенин билген шығарсыз.
Еркинликке жолда қәлеген жағдайда сизлерге шама менен үш адымдай ислеўиңиз керек:
1. Өзиңиздиң қуллық ямаса гүналы минез-қулқыңыздың тараўын/тараўларын белгилең.
2. Буның тийкарында жатқан өтирикти белгилең.
3. Өтирикти ҳақыйқатлық пенен өзгертиң.
Душпан бизлерге топылыс жасағанда бизлер жүрегимизди ҳақыйқатлыққа қаратып ҳәм бизлердиң сезимлеримиз ямаса ақылымыздың «айтқанларына» қарамай оның тийкарында ҳәрекет етиўди үйрениўимиз керек.
Мен шаршаўға, ҳәлсизликке ямаса денеге берилгенимде, мениң ақылым ҳәм сезимлерим өтирикти қабыллағанында, мен тоқтап, өтирикке қарсы туратуғын ҳақыйқатлықты излеўге ҳәрекет етемен.
Мениң жүрегимдеги өтирикти ҳақыйқатлық пенен алмастырмағанша мен өзиме ҳақыйқатлықты, айырым ўақытлары даўыслап ҳәм егер керек болса көп мәрте айтаман. Мен ҳақыйқатлық бойынша ҳәрекет етиўим ушын Қудайдың жарылқаўы ҳәм күши ҳаққында жалбарынаман. Мен көп мәрте ҳақыйқатлықтың әжайып күшиниң гуўасы болдым. Ол ишимдеги толқынланып атырған сезимлерди тынышландырады, мениң ойларым ҳәм өмиримди тәртипке салады.
Жақында мен көп ўақыттан бери жыйналған сезимлеримниң сыртқа шыққанының гуўасы болдым. Бир адам мени ылайық болмасам да айыплады, бул жүдә аўыр болды. Мен өзимди жойтқан едим.
Мен үйге келдим ҳәм ҳеш тынышлана алмай жылай басладым. Бир неше саат даўамында душпан мениң ойым ҳәм сезимлеримде астан-кестенликти орнатты. Мен тек ол адамның наҳақ екени ҳәм мени терең жаралағаны ҳаққында ойлай алдым. Мен жүрегимде өкпениң өш алыўының тамыр жайыўына жол қойдым. Мен басқа, кеширилди деп ойлаған ески өкпелерди тирилттим ҳәм өзимди ақлаўға ҳәм өзимниң айыпсыз екенимди дәлийллеўге киристим. Мениң сезимлерим дыққаттан шықты ҳәм мен ғәзепленип, өзимди аядым.
Ҳәзир мен өтирик тастыйықлаўлардың толық қатарына исенгенимди түсинемен, мысалы, мыналар:
• Ол жаўыз адам ҳәм маған зыян келтириўге ҳәрекет етти.
• Мен жақсы қатнасқа ылайықлыман ҳәм бундайды еситиўге миннетли емеспен.
• Сол адам 100% айыплы еди. Мен улыўма айыпсызбан-ғо.
• Мен бул адамды кешире алмайман.
• Ол маған дүзетип болмайтуғын зыян келтирди.
• Бизлердиң қатнасымызды тиклеў мүмкин емес.
• Бул адам мени ғәзеплениўге мәжбүр етти.
• Мениң ашыўланыўға ҳақым жоқ.
• Мениң өзимди қорғаўға ҳәм басқаларға расын айтыўға ҳақым бар.
• Мен ҳәммесин бундай қалдыра алмайман. Мен өзимниң сезимлеримди өзгерте алмайман.
Бул өтирикке исениў маған узақ саатлы руўхый албыраў ҳәм гүрес алып келди.
Келеси таңда мен өзимниң Мухаддес Китабымды аштым ҳәм келген жеримнен баслап оқыўды басладым; мен Матта жазған Хош Хабардың 5-6-бабын оқыдым. Бул жерде маған ҳақыйқатлық пенен бетпе-бет келиўиме туўра келди:
Кишипейиллилер бахытлы… Мийрим-шәпәәтлилер бахытлы, олар… Жарастырыўшылар бахытлы…
Ал Мениң сизлерге айтатуғыным: жаман адам менен қарсыласпаңлар. Биреў бетиңниң оң жағына урса, оған бетиңниң сол жағын да тут… <…> …душпаныңызды сүйиңлер, сизлерди қуўдалайтуғынлар ушын дуўа етиңлер.
Егер сизлерге гүна ислегенлерди кеширсеңлер, аспандағы Әкеңиз де сизлерди кеширеди. Ал егер сизлерге гүна ислегенлерди кеширмесеңлер, Әкеңиз де гүналарыңызды кеширмейди.
Енди мен таңлаў алдында турдым. Мен өтирикке исенейин бе ямаса ҳақыйқатлықты қабыллайын ба? Усы жерде ҳақыйқый гүрес басланды. Мениң кеўлиме тийген еди. Мен бул өкпени көтерип, өкпелеттиргенге ғәзепленип, аўырыў келтиргим келди. Бирақ жүрегим менен мен бундай шешимниң мени қуллыққа алып баратуғынын сезетуғын едим.
Қудайдың алдында бас ийип, алдыма ашық турған Мухаддес Китапты алып мен ҳақыйқатлықты таңладым. Мен кешириўим кереклигин, қорлағанды тынышлық пенен жибериўди ҳәм оған ғәзеп сақламаўды билетуғын едим. Мен кешире алмайтуғынымды сезетуғын едим, бирақ: гәп мениң кешире алмайтуғынмда емес, ал кешириўди қәлемейтуғынымда екенин билетуғын едим. Егер мен ҳақыйқатлықта жүриўди қәлесем, онда өш алыў ҳәм бул адамды өзимниң сүйиспеншилигимнен айырыў ҳуқықынан бас тартыўым керек еди.
Мен ҳақыйқатлықты өзиме-өзим қайталап, жүрегимде пикирлей басладым. Егер басқаларға мийрим көрсетпесем ҳәм егер Оның ўәсиятларына бойсынсам алатуғын жарылқаўым ҳаққында мен өзиме кеширмеўдиң ақыбети ҳаққында, жойтатуғын мийрим ҳаққында еслеттим.
Мен кешириў ушын қәлеўди күтиўдиң керек емеслигин, Қудайға бойсыныўды таңлаў кереклигин билетуғын едим; мен сезимлеримниң басылатуғынын билетуғын едим. Мен дизерлеп турғанымда ишимде еле гүрес даўам етти, бирақ мен бәрибир ақ байрақты көтердим. Негизинен мен Қудайға: «мен жеңдим», — деп айттым. Мен өзимди ҳәм сол адамды Қудайдың қолына бердим ҳәм қорлаўшыны кешириўге келистим. Бул қандай қыйын болмасын, мен өкпе менен «хошласыўға» келистим.
Эмоционаллық азатлық дәрриў келмеди. Бир неше ўақыт даўамында мен еле өкпелеўди сездим, айырым ўақытлары өзимниң сезимлериме қайтыўға ямаса қалай болса да билдирмей өш алыў сезимин сезетуғын едим. Бирақ Қудайдың мийрими менен мен жүрегиме ҳақыйқатлықты айтыўды ҳәм онда жасаўды даўам еттим. Қудайдың сөзине бойсыныўдан мен қатнасықты тиклеў мүмкиншилигин ҳәм мени қапа қылған адамның өмирин дүзеўди излеўди басладым.
Кейинги ҳәптеде мениң сезимлерим еркиме ерди. Өз ўақтында Қудай маған жағдайды толығырақ түсиниўди берди. Ол мениң реакцияларымның себеплерине нур берди ҳәм мениң жүрегимниң айырым терең, мен сезбеген ҳәм шешиў зәрүр болған машқалаларын көрсетти. Мен Қудайға мениң жағдайларыма «дирижер» болып ҳәм бар машқалаларды көрсететуғындай жетерли сүйгени ушын миннетдарман. Сол жағдайды мениң Масихтың образына жақынлаўым ушын қолланғанына Оған миннетдарман.
Қуллықтан еркин болыў — бул ҳақыйқатлықты билиўдиң мазалы жемиси, онда тийкарланған ҳақыйқатлыққа ҳәм өмир образына исениў. Бизлер ҳақыйқатлықты қалай биле аламыз? Бизлер ҳақыйқатлық-бул әпиўайы пикир ямаса философия емеслигин есте тутыўымыз керек. Ҳақыйқат — бул Жеккелик, ийемиз Ийса Масих. Ол Өзи ҳаққында былай деди: «Мен жол,
…Егер Мениң сөзлерим бойынша жасасаңлар, ҳақыйқый шәкиртлерим боласызлар. Сизлер ҳақыйқатты билип аласызлар, ҳақыйқат сизлерди азат қылады. <…> …Егер Ул сизлерди азат қылса, ҳақыйқаттан азат боласызлар.
Ҳақыйқый азатлыққа тек Ийемиз Ийса менен қатнаста ерисиўге болады. Ийса (Қудадйың тири сөзи) Өзин Мухаддес Жазыўда (жазылған Қудайдың сөзи) ашты. Егер бизлер Оны билиўди қәлесек, онда өзимизди оқыўға, Қудадйың сөзин үйрениўге ҳәм оның үстинде ойланыўға бағышлаўымыз керек. Буны ҳеш нәрсе менен алмастырыўға болмайды ҳәм бул жолды кесиў мүмкин емес. Душпан бизлерге басқа өтирик пенен ҳүжим етеди. Бул өтирикти жеңиў ушын бизлер өзимиздиң ойымыз ҳәм жүрегимизди Масихқа толтырыўымыз керек, Оның Сөзин алыўымыз керек.
Бирақ тек ҳақыйқатты билиў жетерли емес. Бизлер ҳақыйқатлыққа бойсыныўымыз керек. Бул зәрүр болғанда бизлер өзимиздиң пикирлеў образымызды Қудайдың сөзине тийкарланып өзгертиўге таяр болыўымыз керек дегенди билдиреди. Өзлерин масихыймыз деп санайтуғын миллионлаған адамлар ҳақыйқатында алданады — олар Мухаддес Китап бойынша жасамайды. Олардың өмирдеги баҳалықлары, олардың жүз берип атырған ўақыяға бириншиликлери олардың алданғанын ҳәм дүньялық пикирлейтуғыны ҳаққында гүўалық етеди.
Белгили көз-қарас «ҳәмме усылай ойлағаны» ушын дурыс ямаса бизлер бәрҳа буған исенгенимиз ушын ямаса белгили масихый автордың бул жағдайда турғаны ямаса жақсы дос ҳәм кеўил қәўендердиң бизлерге берген мәсләҳәтлерин ойлаў надурыс. Өзимиздиң исенимлеримизди бизлер Қудайдық сөзи менен салыстырыўымыз керек. Бул бизлердиң жалғыз абыройымыз.
Ҳақыйқатқа туўра келетуғын өмир — бул билип турып өтириктен бас тартыў ҳәм ҳақыйқатты қабыллаў. Мине не ушын забур жыршысы былай дуўа етти: «Меннен өтирик жолын алып тасла… Мен ҳақыйқатлық жолын таңладым…» (Забур 118:20-30).
Ҳәр сапары Мухаддес Жазыўды ашып, Қудайдың сөзин еситип, бизлердиң өмиримизге шайтанның өтириги кирген жерге Қудайдың жол көрсетиўи ушын дуўа етиўимиз керек. Соның менен бизлердиң жүрегимизде мынадай сөзлер шығыўы керек: «Қудайым, Сениң Сөзиң ҳақыйқатлық, мен Сениң айтқанларыңның ҳәммесине бойсынаман. Маған бул унаса да ямаса унамаса да, буны мен орынлаўды қәлесем де ямаса қәлемесем де, буның менен разы ямаса наразы болсам да, бул маған унаса да ямаса унамаса да бәрибир мен өмиримди Сениң Сөзиңе бойсындырыўға шешим қабыллайман. Мен Сени тыңлайтуғын боламан».
Бизлер ҳақыйқатты билип ҳәм онда жүрген ўақтымызда Қудай бизлердиң жәрдемимиз бенен әтираптағыларды ҳақыйқатлыққа алып келеди.
…Ендигиден былай гөдек болмайық. Адамлардың жалатайшылығы ҳәм ҳийлекерлиги арқалы пайда болған ҳәр түрли тәлийматлардың самалы менен ана жақтан мына жаққа шайқатылмайық. Керисинше, ҳақыйқатлықты сүйиспеншилик пенен айтып, денениң басы болған Масихқа қарай ҳәр тәреплеме өсип барайық… <…> Сонлықтан, өтириктен ўаз кешип ҳәр бириңиз исениўши туўысқаныңызға ҳақыйқатты айтыңлар. Себеби ҳәммемиз бир денениң мүшелеримиз.
Мен алдын айтқанымдай, бул китапты ҳаяллардың ҳақыйқатлықта еркинликке ерисиўин қатты қәлегеним ушын жазыўды басладым. Бул қәлеў Яқыптың жазған хатының кейинги аятларында айтылған:
…араңызда бир адам ҳақыйқат жолынан адасса, бириңиз оны ҳақыйқатқа қайтарса, билсин, бир гүнакарды надурыс жолдан қайтарған адам бир жанды өлимнен қутқарған ҳәм көп гүналарды жуўған болады.
Бизиң күнлеримизде «гүнакарларды надурыс жолдан қайтарыў» пикири адамларға таң қаларлы ҳәм түсиниксиз болып көринеди. Бизлердиң постмодернистлик мәдениятымыз — «сабырлылық», ал бул төмендегини билдиреди: «Сен қәлегениңше жасаўың мүмкин, бирақ маған кеңес бериўге ҳәрекет етпе. Мениң өмиримниң саған қатнасы жоқ». Бул өтирик бизлердиң мәдениятымызға сиңген, көпшилик исениўшилер ҳақыйқатты талап етиўди тоқтатты, себеби шыдамсыз ҳәм шексиз адамлардың абыройына ийе болыўдан қорқады.
Көпшилик масихыйлардың жағдайы — «өзиң жаса ҳәм басқалардың жасаўына жол бер» — тек ғана дүньяға болған қатнасында емес ал ҳақыйқатлықта жүрмейтуғын исениўшилерде де көринбейди. Олар «қайықты есиўди», қатаң ҳәм қыйқым деп аты шығыўын қәлемейди. Ҳәммесин барынша қалдырыў жеңилдей көринеди.
Бизлер Масихтың ҳақыйқатлығы, Оның Сөзиниң ҳақыйқатлығы адамларды азат ететуғынын есте тутыўымыз керек. Бул да Хош Хабар! Және бул жүдә әҳмийетли хабар. Бизлердиң жақынларымыз ҳәм туўысқанларымыз басқаша қараңғылық, өтирик ҳәм өлимниң қуллығынан азат бола алмайды. Егер бизлер оларды ҳақыйқаттан сүйсек, онда дуўа арқалы оларды өмирге деген Қудайдың көз-қарасына қайтыўына талпындыра аламыз.
Егер олар бизлердиң жәмийетимиздиң «көзин исирсе де», бизлер ҳақыйқатты билиўимиз, оған исениўимиз, оған бойсыныўымыз ҳәм ол бойынша жасаўымыз керек. Бизлер батырлық пенен, исеним ҳәм ҳақыйқатлықты жәриялаўға жан ашыр болыўымыз, гүнакарларды өтирик жолынан қайтарыўға талпыныўымыз ҳәм ҳақыйқатлық жолынан кеткенлерди қайтарыўымыз керек.
ОН БИРИНШИ БАП
БИЗЛЕРДИ АЗАТ ЕТЕТУҒЫН ҲАҚЫЙҚАТ
Бул китап үстинде ислеп атырып, мен өзим де айырым өтириклерге исенетуғынымды көрдим: «Барлық керек нәрселеримди ислеўге менде ўақыт жоқ!», «Бүгин мен өзиме Қудай менен азырақ қатнаста болыўыма жол қоя аламан!», «Мен усылай ислеймен, себеби жүдә шаршадым… Себеби мениң бәрҳа дыққатымды алады… себеби мен көп нәрсеге үлгериўим керек…», «Мен енди басқа шыдай алмайман».
Асыққан, қайғырған ҳәм аўырған ўақытлары Қудай мениң жүрегимде қайта-қайта ҳақыйқатты екти. Мен ҳақыйқатты еситкенде, ол ҳаққында пикирлегенде, оған исенип ҳәм бойсынғанда, Қудайдың Руўхы мени азат етеди — мениң сезимлерим тынышланады ҳәм мен енди өзимниң жағдайыма Қудайдың көз-қарасы менен қарай аламан. Қудайым менен қаншелли көп жасасам, ҳақыйқаттың күши соншелли мени таң қалдырады!
Бизлер шайтанның исендиретуғын өтириклериниң түрлериниң ҳәр қыйлылығын көрип шықтық ҳәм оған қарсы туратуғын ҳақыйқатты үйрендик. Бул соңғы бапта мен өзимниң көз-қарасым бойынша заманагөй ҳаяллардың қабыллайтуғын ең әҳмийетли жигирма еки ҳақыйқатты айырғым келеди. Мен өзим де оған бәрҳа қайтаман. Олар мениң ойымды, еркимди ҳәм сезимлеримди беккем қорғайды. Бул ҳақыйқат мени азат етеди — ол сизди де азат етеди.
Сизлер бул китапты тек көрип шығыў қәлеўин сезиўиңиз мүмкин. Буның орнына сизлерди азат етиўге ҳәм өмириңизди өзгертиўге уқыплы ҳәр бир ҳақыйқатты ойланыўыңызға шақыраман. Олардың ҳәр бирин даўыслап оқың, пикирлеў образыңыз өзгерип, Қудайдики менен туўра келемен дегенше оларды қайта-қайта оқың. Бәлким, бул дизимди ядлап алыў керек шығар, сондай-ақ мухаддес китаптың аятларына силтемелер ҳәр бир ҳақыйқатты тастыйықлайды.
Келешекте сизлер келеси өтирикке исенгениңизди көрсеңиз, дәрриў бул дизимге қайтың ҳәм оны оқып шығып, өзиңиздиң пикириңизди жаңалаң, өзиңиздиң жүрегиңизди ҳақыйқатқа үйретиң.
1.
Бирақ шараяттан, сизиң сезимлериңизден ҳәм ойларыңыздан ғәрезсиз, Қудай минсиз ҳәм Оның ислеген ҳәр бир нәрсеси — жақсы.
2. Қудай мени сүйеди ҳәм маған тек жақсылық тилейди (Рим 8:32; 38-39 — қа қараң). Қудай бизлерди, бизлердиң мүләйим ҳәм ылайықлы адам болғанымыз ушын ғана емес, ал Ол Сүйиспеншилик болғанлықтан сүйеди. Бизлер Оның сүйиспеншилигине ылайықлы бола алмаймыз. Бизлер Оның шексиз сүйиспеншилигин түсине алмаймыз, бирақ егер оған исенсек ҳәм оны қабылласақ, ол бизлердиң өмиримизди өзгертеди.
Қудай минсиз ҳәм бизлерди сүйеди, Ол Өзиниң бизлерге ойлаған өмириниң қуўанышын бастан өткериўимизди қәлейди. Ол бизлердиң ҳақыйқый ҳәм мәңгилик қуўанышқа тек Өзинде ийе болыўымызды биледи. Ол бизлерди соншелли сүйгенликтен, бизлердиң Өзине келиўимизди үйретеди, себеби тек усылай бизлер ҳақыйқый қанаатланыўды сезиўимиз мүмкин.
3.
4.
5.
6.
Аюп сөз бенен айтып болмайтуғын қайғыларды басынан кеширгди, бирақ оған шайтанның оқ жайлары ушқан ўақытта да, Қудай жағдайды өз қолына алды. Шайтан Қудайдың хызметшисине қол тийгизиўи ушын Оннан рухсат алыўына туўра келди. Қудай жолымызда ушырасатуғын қыйыншылықлардың күшин ҳәм даўам етиўин белгилейди. Ол Өзиниң балаларының өмиринде қәтешкке жол қоймайды. Биреў: «Қудайдың ерки — бул (егер) бизлер Қудайдың билетуғынларының ҳәммесин билип, соны таңлағанымыз», — деп айтқан. Мәңгиликте болып бизлер жердеги өмирге көз таслаймыз ҳәм усы ўақытқа шекем ҳақыйқатлық деп қабыллағанымызды өз көзимиз бенен көремиз. Ол ҳәммесин дурыс иследи.
7.
Сиз ҳәзир қандай шараятта болсаңызда сиз ушын Оның жарылқаўы жетерли болады. Сизиң өмириңизде ертең, арғы күни ямаса елиў жылдан кейин не болыўына қарамастан, сол ўақытта да Қудадйың жарылқаўы сиз ушын жетерли болады.
Аўыр ҳәм пәске тасланған өтмишиңиздеги еске түсириўлериңиз, сынықларыңыз ҳәм әўметсизликлериңизди жеңиўиңыз ушын Оның жарылқаўы жетерли. Оның жарылқаўы жалғыз ҳәм жаман адам менен елиў жыллық некедеги өмирге де жетеди. Оның жарылқаўы төрт баланы өсирип атырған жалғыз анаға да жетерли. Оның жарылқаўы үш мектеп жасындағы ҳәм еки жас өспирим балалары бар анаға да жетерли. Оның жарылқаўы өзиниң қартайған ата-аналарына ғамхорлық ететуғын ҳаял ушын, мәмлекетлик пособияға жасап атырған жесир ушын ҳәм қариялар үйиндеги инвалид ушын да жетерли.
Бизлер ҳақыйқатлықты өзимизге ҳәм әтирапымыздағыларға қайталап турыўымыз керек. Өмирдиң қәлеген дәўиринде, қәлеген шараятта Оның жарылқаўы жетерли. Ол мен ушын, ҳәм сизлер ушын да жетерли.
8.
Забур жырлаўшысы өзиниң гүнасының үлкен екенин түсинетуғын еди, бирақ Қудайдың мийрими тәўбе еткен гүнакардың гүнасынан көбирек екенин де түсинетуғын еди: «Егер Сен, Қудайым, әдилсизликти түсиниксиз көрсең, — Қудайым! ким тура алады? Бирақ кеширим Сенде, Сениң түсиниксиз алдыңда ҳүрметленсин» (Забур 129:3-4).
9.
10.
Наҳақлардың Қудайдың Патшалығын мийрас етип алмайтуғынын билмейсизлер ме? Алданбаңлар! Бузықшылық ислеўшилер, бутпаразлар, неке ҳадаллығын бузыўшылар, еркек пенен жынысый қатнас жасайтуғын еркеклер, урылар, нәпсиқаўлар, мәскүнемлер, жалахорлар ҳәм тонаўшылар Қудайдың Патшалығын мийрас етип алмайды. Араңыздағы айырымларыңыз усындай адамлар еди. Бирақ, сизлер Ийемиз Ийса Масихтың аты менен ҳәм Қудайымыздың Руўхы менен тазаландыңыз, мухаддес болдыңыз ҳәм ақландыңыз.
Бәлким, өтмиште сиз күйеўиңизге қыянет еткен, адам өлтирген, көп ишетуғын ямаса лесбиянка болған шығарсыз. Бәлким, сиз аборт ислеп ямаса бузықшылық ислеп, қәлеў, ғәзеп ямаса менменликтиң қулы болған шығарсыз. Бирақ Масихта сиз бупынғыдай адам емессиз. Сиз улыўма басқа адамсыз. Сиз Масихтың қаны менен жуўылдыңыз, Оның мухаддес иси ушын ажыратылғансыз ҳәм Қудайдың алдында әдил деп жәрияланғансыз.
Қудайдың сөзиниң ҳақыйқатлықына арналған конференцияда болғаннан кейин, Лиза маған өтмишиниң қайғылы еслеўлеринен ҳақыйқатлық қалай азат еткенин жазды:
Бизиң өтмишимиз — балалық, бизлерге келтирген аўырыў ҳәм бизлердиң басқаларға келтирген аўырыўымыз, — буның ҳәммеси әўметли жолда қарсылық болыўы мүмкин. Лекин бул Қудайдың мийрими менен бул жеңиске ҳәм жемисли өмирге келеси адым бола алады.
11.
Ҳақыйқатында да Қудайдың сөзи тири ҳәм тәсирли, ол бизлердиң азапланған жүрегимизди шыпалайды ҳәм бизлердиң шаршаған жанымызға тынышлық алып келеди. Ол бизиң жолымыздағы (жарық) нур. Бизлердиң мүтәжликлеримиз, жағдайымыз қандай болмасын, Қудайдың сөзи бизлердиң мүтәжликлеримизди қандыратуғындай жағдайда. Ол бизлердиң сүйгенимиз ҳәм жақынларымызға да жәрдем беретуғын жағдайда.
Азапланып атырған адамлар бизлердиң пикиримиз я усынысларымзға мүтәж емес. Олар Қудайдың не айтып атырғанын (билиўи керек). Олар Оның буйрықларын, (Оның) бейишин ҳәм (Оның) жолын билиўи керек. Егер бизлер адамларға ҳақыйқаттан жәрдем бериўди қәлесек, онда оларды ҳақыйқатлыққа бағдарлаўымыз керек, кейин дуўа етиўди, сүйиспеншилик пенен оларды анық жағдайларда пайдаланыўға үйретиўимиз керек.
12.
• бизлер кешире алмайтуғындай адам жоқ (Марк 11:25 — қа қараң);
• бизлер сүйе алмайтуғындай адамлар жоқ (Матта 5:44 — қа қараң);
• бизлер Оған ҳәмме нәрсе ушын миннетдар болыўымыз керек (Салоника 1-х 5:18 — қа қараң);
• бизлер қәлеген жағдайларда разы болыўымыз мүмкин (Еврей 13:5 — қа қараң);
Машқала бизлердиң Қудайды тыңлай алмайтуғынымызда, бизлерди терең жаралаған ата-аналарымызды кешире алмайтуғынымызда, кәсиплеслеримизди сүйе алмайтуғынымызда, даўыл ортасында Қудайға рахмет айта алмағанымызда, бир ханалы квартирада жасап қанаатланбағанымызда емес.
Машқаланың негизи бизлердиң Қудайды тыңлаўымызда емес. Көбинесе бизлер кешириўди, сүйиўди қәлемеймиз, Қудайға миннетдаршылық билдириўден бас тартамыз ҳәм Оның бизлерге бергенлерине қанаатланбаймыз. Бойсыныў — бул бизлердиң Қудайдың тәбияттан тыс күшине сүйенип ислеген шешимимиз. Мухаддес Руўхтың күши менен бизлер кешириўди, Оған бизлер арқалы әтираптағыларды сүйиўине жол қойыўды, қәлеген шараятта Қудайға рахмет айтып ҳәм разы болып қалыўды шешиўимиз мүмкин.
13.
Бәлким, бизлер өзимиздиң өмиримиздиң ўақыяларын басқаратуғындай жағдайда емес шығармыз. Бизлер қандай шаңарақта туўылыўды, сыртқы көринисимиздиң қандай болатуғынын, қандай тәрбия болатуғынын таңламаймыз. Бизлер өмиримизди сапластырған көплеген жағдайларға даўыс бериў ҳуқықына ийе емес едик. Бирақ Қудайдың мийрими менен бизлер шараяттың қурбаны болмаўымыз керек — бизлер Оның өмиримизде жол қойған қыйыншылықларны басқара аламыз.
Бизлер адамларды, жағдайларды айыплаўды тоқтатсақ, өзимиздиң қылықларымыз ушын басқаларға жуўапкершиликти аўдарыўды тоқтатсақ, өзимиздиң таңлаўымызға өзимиз жуўап бериўди басласақ, бизлер ҳәлсиз қурбан сыяқлы сезимнен азат боламыз. Бизлер шараяттан ғәрезсиз Қудайды тыңлаў ҳуқықына ийе боламыз.
14.
Дәл усы сыяқлы бизлердиң бүгинги қәлеген таңлаўымыз тек бизиң өмиримизде емес, ал (бир неше) кейинги әўладлардың өмиринде де нәтийжеге ийе болады. Ҳәр бир өзин ойлаўшылық, мен бүгин қабыллап атырған гүналы ямаса денелик шешимлер, — бул өсип, жемис беретуғын туқым, тек биреў емес. Ҳәр бир бойсыныў акты — бул да мениң ҳәм жақынларымның өмиринде жарылқаў жемисин беретуғын туқым. Жыйын бирден пайда болмайды. Бирақ ол әлбетте болады.
15.
Ҳақыйқый еркинлик ҳәм тынышлықты бастан өткериўдиң жалғыз мүмкиншилиги — баўды жиберип, бийликти Қудайдың басқарыўына өткериў, себеби оған исениў мүмкин ҳәм Ол бизлердиң машқалаларымызды шешетуғындай жағдайда. Өткен ҳәптеде мен кәсиплеслеримниң бирине өкпем менен гүресиўге ҳәрекет еттим. Бул бизлерге, ҳаялларға тән болғандай, мен бул жағдайды басымда қайта-қайта өткердим. Кейин мен тек жоқары болыўға ҳәрекет еткенимди түсиндим ҳәм мен ушын дуўа етиўин илтимас етиў ушын жақын достыма қоңыраў қылыўды шештим. Бизлер хошласып болғанда, тосаттан ол: «Нэнси, мен буны саған қалай айтыўды билмеймен, бирақ есиңде тут… сен Қудай емессең-ғо», — деп айтты: М-аўа.
Не ушын Қудайға Қудай болыўға жол қойыў сондай қыйын? Не ушын дүньяны басқарыўға Оған жол қойыў қыйын? Себеби тек Ол оны басқара алады. Ол бизлерди сүйеди ҳәм ҳеш бир майда-шүйдени нәзеринен шетте қалдырмайды. Өмиримиздеги ҳуқықты Оған бериўден бас тартып, бизлер Оның орнына жумыс ислеўге ҳәрекет етип атырмыз. Азатлыққа жол өзиңниң өмириң, шаңарағың ҳәм жағдайыңды басқарыўдан бас тартыўда жатыр. Тек усы жағдайда бизлер тек Қудайдың қолынан келетуғын караматлардың гуўасы боламыз.
16.
Шайтан Қудайды қулата алмайды, ал бизлер жерде Өзиниң Патшалығын орнатыўына Оған жәрдем берип, Қудай менен бирге ислеймиз.
17.
Қудайдың некели ҳаяллар ушын хызмети тиййкарынан олардың үйдеги ролине тийисли. Павел Титти ибадатханасының жас ҳаяллары мыналарға үйренген болыўы керек деп исендиреди:
…Қудайдың сөзине тил тиймеўи ушын… күйеўи ҳәм балаларын сүйиўди, өзлерин тутып билиўди, пәк, хожалыққа жанкүйер, мийримли болыўды ҳәм күйеўлерине бойсыныўды үйрете алады.
Ҳаял ҳәм ана ушын я карьера, я қызығыўшылық, я адамлар менен қатнас, ҳеш нәрсе шаңарағы ҳәм балаларынан әҳмийетли бола алмайды. Жумыс сизлерге қанаатланыў бериўи мүмкин. Ол сизлерге көбирек материаллық жарылқаўлар ҳәм басқа да ала алмайтуғын қолайлықлар бериўи мүмкин. Бирақ бәри бир өзиңниң үйиңде дөретиўден, жерде күйеўиң менен Қудайды уллылаў, балаларыңды ҳәм ақлықларыңды азықландырып, өсириў, кейинги әўладты оқытыўю өзиңнен бас тартыў ҳәм адамлар ушын өзиңниң өмириңди тапсырыўдан жоқарырақ хызметте, қуўанышта жоқ. Бул ҳаялдың уллы хызмети.
18.
Қудай бизлерди усы жерде ҳәм ҳәзир бахытлы қылыўы ушын қутқарған жоқ. Ол (бизлерди) «бизлерди тазалап, Өзине тийисли ҳәм жақсылық ислеўге инталы бир халықты жаратыў ушын» қутқарды (Тит 2:14). Ийемиз Ийса Өзиниң аспандағы үйин таслап, жерге түсти ҳәм Өзиниң өмирин бизлердиң ҳәзлигимиз ушын жасаўға емес, ал бизлердиң еркин болыўымыз ҳәм Оның ҳәзлиги ушын жаратылған Қудай ушын жасаўымызда берди.
Бойсыныў жолында турыў аңсат емес. Айырым ўақытлары бул белгили қурбанлықларды талап етеди, бизлерге жеке қолайлығымыздан кешиўге туўра келеди. Бирақ бизлердиң қәлеген қурбанлығымыз ўақытша ҳәм мәңгиликте алатуғын қуўаныш ҳәм қанаатланыўға тең келмейди. Тек мухаддесликке талпынып, бизлер ҳақыйқый бахытқа ерисе аламыз.
19.
Бирақ Қудай тек мениң машқалаларымды шешиў ушын бар емес-ғо. Бул Оның мениң сезимлериме бийпарўа дегени емес, яқ. Бирақ, өмирдеги бириншиликлердиң шынжырын дизип, бизлер Қудайдың Өзи нени әҳмийетли деп есаплайтуғынын есапқа алыўымыз керек.
Ал Оған ҳәр бир адам Өзиниң уллылығын көрсетиўи әҳмийетли. Өзиниң образына жақынласыўымыз ушын Ол мүмкин болған ҳәмме нәрсени ислеўди қәлейди. Бизлерди көбирек тынышсызландыратуғын айырым машқалалар ҳақыйқаттан да бизлерге Оның мақсетинде жүриўге жәрдем береди. Егер бизлер бул машқалалардың шешилиўин талап етсек — шыдап болмайтуғын баслықтан, финанстың қыйынласыўынан, ден-саўлық пенен байланыслы машқала, некедеги машқалалардан қутылыўға ҳәрекет етсек, — онда Қудайдың бизлерге таярлап қойған жақсылығынан бос қалыўымыз мүмкин. Бизлерди Өзиниң Улына уқсатыўды ойлап жиберген машқалаларынан узақты көрмей жек көриў қандай ақмақлық.
20.
Еремия пайғамбардың китабында бизлер өзимизди тазалаўға хызмет ететуғын қайғыларды жаман көриўдиң ақыбетлериниң анық сүўретлемесин табамыз:
Моаб жаслығында тынышлықта болды, өзиниң ашытқысында отырды ҳәм ыдыстан ыдысқа қуйылмайтуғын еди ҳәм тутқынға бармады, сонлықтан онда оның мазасы қалды ҳәм оның ийси де өзгермеди.
Еремияның дәўиринде вино ислегенде, жүзимниң суўын вино месине қуятуғын еди ҳәм ашшысы кетемен дегенше бир неше ҳәптеге қалдыратуғын еди. Кейин жаңа қоқым пайда болыў ушын виноны басқа меске қуятуғын еди. Бул барыста вино толығы менен тазарып ҳәм, мазалы боламан дегенше қайталанатуғын еди.
Моаб халқының тарийхы өзине тән тыныш еди, олар бир қайғыдан басқасына тазаланыў барысының қуйылыўын өтпеди. Нәтийжеде моаблыларда гүнаның қойыў ҳәм ашшы қоқымы қалды, олардың мазасы өзгермеди. Қайғы — бул өзин ойлаў ҳәм гүна жоқ болып ҳәм Мухаддес Руўхтың виносы таза ҳәм мазалы боламан дегенинше бир ыдыстан екиншисине қуйыў.
21.
Қәлеген қайғы белгили бир мақсетке ийе. Қудайда бизлердиң өмиримизге жиберген қыйыншылықларында айрықша мақсет бар. Өзиниң мақсетине жетиў ушын қайғының күшиниң қанша ҳәм олардың қанша даўам ететуғынын анық биледи. Өзиниң еркиниң орынланыўына кереклисинен артық қайғының узақ созылыўы ямаса аўырырақ болыўына жол қоймайды.
Қудай бир күни «өлим болмайды, қайғы да, жылаў да, азап та болмайды» (Аян 21:4), — деп ўәде береди. Соның ушын қәдирли Қудайдың баласы, сениң көзиң жасқа толғанда ҳеш қандай үмит жоқтай көринсе де мәрт бол. Басыңды көтер, Қудайға миннетдаршылық билдир ҳәм жақында сениң исенимиң сыйлықланатуғынын бил ҳәм сен ақырына дейин бирге болыўға бирилген ўәдени көресең.
22.
Қудайдың нийети ҳәм оның мақсетлери бизлердиң көрип ҳәм не ҳаққында ойлағанымыздан әҳмийетлирек. Мениң банктеги счетым, жара ҳәм аўырыўым, зыянланған өзимди сүйиўим, мүтәжлик ҳәм қәлеўлерим — буның ҳәммесиниң, мен ең баслысы мен емес, ал Ол екенин есиме түсиргенимде екинши орынға кетеди.
Өмиримиздиң жағдайларымыз дурыс тәсирлениўи ушын бизлер ҳәммесинен алдын: мениң өмиримниң мақсети не? деген сораўға жуўап бериўимиз керек. Егер мениң мақсетим — бахытлы болыў, биреўге керек болыў ямаса сүйикли болыў болса, онда мен барлық қарсылықларды қойылған мақсетке ерисиўде тосқынлық етип атырған шайтанның топылыслары деп қабыллайман.
Басқа тәрептен, Оның рәҳәти ҳәм даңқы ушын бар екенимиз бенен Қудайға қосылған ўақтымызда-ақ, бизлер барлық ўақыяларды Оның нийетлериниң бир бөлегиндей қабыллай аламыз. Бизлер өкпелеп, қарсылық билдирип ямаса «қыйыншылықлардан» қашпаймыз, бирақ бизлерди Ийсаға уқсатып ҳәм Оны алғыслаўымыз ушын оларды Қудайдың жиберген дослары сыпатында қабыллаймыз. Бизлер Оның жүзине қарап: «Мен баслы қаҳраман емеспен. Баслы қаҳарман — Сен. Егер Саған бир нәрсе унаса, онда бул маған туўра келеди. Тек Сен алғыслансаң болғаны», — деп айта аламыз.
ЭПИЛОГ
Notes
1
Басқа аўдармасы: «Өсимлик ушын ашыўланыўға сениң қандай ҳуқықың бар?» — Аўдармашының еслетпеси.
2
Басқа аўдармасы: «Мен қатты ашыўдаман… ҳәттеки, өлгенше», — Аўдармашының еслетпеси.