Ҳәр бир ата-ана сыяқлы сиз балаларыңыздың бахытлы болыўын қәлейсиз. Дуўа етиў арқалы бул қәлеў жүзеге аса алады. Қудайға жәрдем сорап мүрәжат етип, сиз балаңыздың өмирин жақсы тәрепке өзгерте аласыз. Бул китаптың авторы, өз тәжирийбесине тийкарланып ҳәм басқа адамлардың өмиринен мысаллар келтирип, ата-аналардың қызғын ҳәм шын жүректен дуўа етиўлери балаларды жаўызлықтан ҳәм ҳақыйқат жолында сақлаўға жәрдем беретуғынын көрсетеди.
Сторми Омартиан
АТА-АНА ДУЎАСЫНЫҢ КҮШИ
Алғы сөз
Мениң анам — дүньядағы ең әжайып ана. Ол мени бәрҳа қоллайды ҳәм ҳәмме нәрседе маған жәрдем бериўди қәлейди. Мен оған дуўа етиўлери ҳәм сүйиспеншилиги ушын миннетдарман. Ол мен ушын күнде дуўа етеди ҳәм бул мениң оқыўым ҳәм өмиримде үлкен қоллаў болып хызмет етеди деп ойлайман. Оның дуўа етиўлери маған көп нәрседе өзгериўиме жәрдем берди ҳәм, бәлким, тек олардың арқасында мен бул дүньяда жасап атырған шығарман. Бир күни анамның дуўа етиўлери кәрамат иследи — мениң өмиримде ҳеш күтилмеген бир әжайып ўақыя жүз берди. Мениң классымда мени қорқытатуғын ҳәм мен бәрҳа оннан арманырақтан жүриўге ҳәрекет қылатуғын жүдә жаўыз ҳәм жаман бир қыз бар еди. Мен ол ҳаққында анама айтқан ўақтымда, анам маған усы қыз ушын дуўа етиўди усынды. Бул пикир маған унады ҳәм бизлер бирге ол ушын оқыўдың ең соңғы күнлерине шекем ҳәм пүткил жаз даўамында ҳәр күни дуўа еттик. Ал, келеси оқыў жылында кәрамат болды: бул қыз толық өзгерди ҳәм мениң ең жақсы досларымның бири болып қалды. Бул ўақыя мениң пүткил өмириме қатты тәсир етти, себеби усыған уқсас ўақыя мениң өмиримде алдын ҳеш болмаған еди.
Анамның дуўа етиўлери өз исин ислейди. Расын айтқанда, бәрҳа бундай бола бермейди, бирақ бизлер дуўа еткенимизде жуўапты дәрриў алмасақ та, бәрибир олар мени қоллайды. Мен Қудайға ҳәм анама миннетдарман. Рахмет саған, анажан.
Мен өзимниң сүйиўши ҳәм ғамхор ата-анамның дуўа етиўлери мени ҳақыйқаттан қорғайтуғынын тән алыўым керек. Мениң анам ҳәм әкем ҳәммесин түсинеди, бирақ айырым ўақытлары жүдә күлкили болады. Ата-анамның ийе болған барлық әжайып қәсийетлеринен, көбирек мен олардың өзим ҳәм сиңлим ушын дуўа етиўде турақлы болғанын қәдирлеймен. Егер мен олардың дуўаларының өмиримде атқарған роли ҳаққында айтыўды қәлесем, мен, бәлким, усы китапта анамның жазғанынан да көбирек жазатуғын шығарман. Соның ушын мен ата-анамның дуўа етиўиниң күшин толық сезген ўақтымдағы тек бир жағдайды еске аламан.
Өмиримниң пүткил он сегиз жыл даўамында ата-анам мениң қәўипсизлигим ушын бәрҳа дуўа етти. Мен «тынышлық» қаласы деп аталатуғын Лос-Анджелесте өскенлигимнен олардың дуўа етиўлери маған қалқан болып хызмет етти. Мектеп жылларында Қудай мени аўыр автомобиль апаты ўақтында қорғағанын жақсы еске аламан. Бир күни азанда мен ҳәм мениң еки классласым мектепке машинада қәўипсизлик белбеўин тақпай баратырғанымызда кесиспеде басқа автомобиль менен соқлығысып кеттик. Досларымның бири аўыр жарақатланды, ол машинадан самаллатыў айнасы арқалы ушып кеткен еди, ал басқа бала рульге урылып жүзи жарақатланды. Мен артқы отырғышта отыр едим ҳәм арқамның төменги бөлиминдеги азғана жарақат пенен қутылдым. Бизлердиң ҳәммемиз набыт болыўымыз мүмкин еди, бирақ Қудай бизлерди Өзиниң қанаты астына алып мүриўбет көрсетти. Дәл сол ўақытта мен ата-анамның дуўа етиўлериниң әҳмийетин сездим ҳәм бизлерге қәўип болған ўақытта Қудайдың өмиримизге қалай араласатуғынын ҳәм бизлерди қутқаратуғынын анық көрдим.
Мениң өмирим ушын ата-анамның дуў етиўде турақлылығы ушын мен оларға шексиз миннетдарман. Бул дуўа етиўлер мени қәўиптен тек қорғап қоймастан, ал мени диншил ҳәм әдиллик жолында сақлады.
Бүгин, маған әлле қашан он сегиз жас толғанда, мен өмиримде ата-анамның дуўа етиўлери арқалы қандай да жақсы нәрсе әлбетте болады деп ойлайман. Мен олардың мениң тезирек үйлениўим ҳаққында дуўа ететуғынын билемен, бәлким, сол ўақытта олар жеңил дем алар.
Миннетдаршылық
Қудайдың алдында жүрегиңди суў сыяқлы төк, балаларыңның жаны ҳаққында Оған қолыңды соз…
Мен мына адамларға:
•
•
•
•
•
•
•
•
•
•
•
•
•
1-бап
Бул дүньядағы қыйын ҳәм ең жуўапкершиликли уллы ислердиң бири. Ол үлкен қуўаныш ҳәм күшли жарақат алып келиўге уқыплы. Ҳеш нәрсе жанды усы тәризде байытпайды ҳәм басқа ҳеш нәрсе усы тәризде ашшы кеўил қалыўдың дереги бола алмайды. Адам өмириниң ҳеш бир тараўы да, егер ҳәммеси жақсы болса, соншелли зор қуўаныш ҳәм руўхланыўға жол бермейди ҳәм әўметсизлик жағдайында олардың биреўи де соншелли қапашылық алып келмейди.
Балаларды тәрбиялаў!
«Тәрбиялаў» сөзиниң өзи ересек адамларда ҳәр қыйлы сезимлерди пайда етеди. Өзимиздиң барлық күшимизди бизлер балаларымыздың тәрбиясына беремиз. Бизлер өзлеримизди жаңа әўметке ерискендей сезе баслаған ўақытта, балаларымыздың өмириниң жаңа басқышы бизлерге таза машқалаларды алып келеди. Гейде усы даўыллы теңиздеги жүзиўимиз дерлик тегис өтеди, ал гейде даўыл бизлерди қуўып жетеди ҳәм толқынлар төбемизге шекем қуйылады. Айырым ўақытлары бизлерди қапашылық қаплайды ҳәм бизлер не болса сол болсын-толқын бизлерди жутса-жутсын, — деп жеңилиўге таяр боламыз.
Бирақ мен сизлерди жигерлендиргим келеди. Бизлер апаттың еркине улыўма берилмеўимиз керек.
Балаларымыз келтириўи мүмкин болған «күтилмеген саўғалары» ның алдында қорқыныштан қалтырап, тырнақларды тислеп ҳәм қолларды сындырып ханада ашыўланып жүриўдиң кереги жоқ. Ҳәр бир мүйеште оларды қәўип күтип турғандай көринген ўақытта, балаларыңыздың өмириниң ана я мына басқышы жақынлағанынан қорықпаўымыз керек. Бирақ бизлер минсиз ата-ана бола алмаймыз, бирақ балаларымыздың өмирин ҳәзирдиң өзинде жақсы тәрепке өзгертиўди баслаў бизлердиң күшимизде. Баланың неше жаста екениниң әҳмийети жоқ: үш ажырасыўды басынан өткерген отыз жаслы ул (үшеўи де оның спиртли ишимликке қатты берилгени себепли болды), бизлерге ең минсиз болып көринетуғын туўылғанына үш күн болған баладан кем болмаған дуўа етиўге мүтәж. Балаларымыз неше жаста болмасын, бизлердиң дуўа етиўлеримиз тек олардың ийгилиги ушын хызмет етеди. Дуўа етиўдиң мәниси балаларымыздың өмирин жеке күшимиз бенен өзгертиўге ҳәрекет етиў емес, ал барлық дәўирдиң минсиз ата-анасы болған — Аспандағы Әкемизге мүрәжат етиўден ибарат. Солай етип, алға қарай жүрип ҳәр қәдемде, балаларымыз ушын өтиниш етиўди үйренип, бизлер дуўа еткенимизде Қудайға олардың өмириниң ҳәр бир майда-шүйдеси ҳаққында айтыўымыз керек. Онда адам көз алдына келтириў мүмкин болмаған үлкен күш жасырынған. Соның ушын ата-ана дуўа етиўиниң күшин баҳалаўы керек.
Тилекке қарсы, мениң ата-анам еликлеў ушын үлги болмады, анам қызба адам болды. Усындай агрессив тәрбиядан әжайып тәризде азат болыўым ҳаққында мен
Бастан-ақ мен өзимди жаман ана есаплап, биринши баланың туўылыўынан кейин қатты қайғырдым ҳәм қапаландым. Анам менен қатнасым мени жарақатлағаны сыяқлы оны да жарақатлаўдан қорқатуғын едим. Мен тәрбия темасындағы үйде бар барлық китапларды оқып шықтым ҳәм масихыйлық бойынша бала тәрбиялаў семинарларының биреўин де қалдырмаўға ҳәрекет еттим. Мен усы мағлыўматлардың ҳәммесин өзлестириўге ҳәрекет еттим, бирақ бул жеткиликсиз болып шықты. Мени баламның руўхый, эмоциональ ҳәм ақылый раўажланыўы ҳаққындағы сансыз қорқынышлар қыйнайтуғын еди, бирақ ҳәммесинен көбирек мени оның менен не жүз беретуғыны қыйнады. Оны урлап кетиўи, ол шөгип кетиўи, апатқа түсип ҳәм қатты жарақатланыўы, аўырып қалыўы, оны жолдан шығарыўы, зорлықтың қурбаны болыўы ямаса әпиўайы тәризде өлиўи мүмкин еди. Улымның келешеги ушын қорқыныш мени албыратты. Мен аналық қәўетеримди басыўға қаншелли ҳәрекет етсем де, қәлеген исленген жынаятлар ҳаққында журнал мақаласы, қәлеген көк экран жаңалығы маған балам ушын және де үлкенирек қорқыныш оятты. Буннан тысқары, бизлер жынаяттың қозыўы менен «белгили» болған Лос-Анджелесте жасайтуғын едик. Бул мениң күшимнен жоқары еди.
Бир күни қапаланып, мен: «Қудайым, мен басқа шыдай алмайман. Мен суткасына жигирма төрт саат баламды қараўыллай алмайман. Мен руўхый тынышлыққа ийе болыўды қәлеймен. Мен не ислейин?» — деп дуўа еттим.
Келеси бир неше ҳәпте даўамында Қудай Кристоферди Өзине тапсырыўға көндирип, мениң менен сөйлести. Балам туўылғаннан кейин бизлер күйеўим менен оны дуўа етиў жыйналысында Қудайға арнадық, бирақ Қудай бизлерден оннан да көп нәрсени қәледи. Ол бизлерди баламыздың өмирин Өзине толық исенип тапсырыўымызды қәледи. Бирақ бизлер баланы Қудайдың қолына берип, өзимизден баламыздың тәғдири ушын жуўапкершиликти алып таслай аламыз деп ойламайтуғын едик, бизлер өзимизди Қудай менен тығыз байланыста көриўди қәледик. Бизлер
Кристофердиң өмириниң барлық тараўлары ушын дуўа етиў зәрүр еди. Буны аңлаған ҳалда мен егер мени балам ушын қорқыныш қыйнай баслаған болса, онда бул Кристофердиң белгили бир дуўа етиў керек болған машқаласына Мухаддес Руўх мениң итибарымды қаратып атырғанын түсиндим. Мен ол ҳаққында дуўа еткенимде ҳәм баламды Қудайдың қолына бергенимде, Ол мени усы анық тәшиўиштен азат етти. Бирақ, бул усы мүтәжлик ҳаққында мениң басқа дуўа етпеўимди билдирмейтуғын еди, тек ғана усы жүк мениң ийнимнен қандай да ўақытқа шекем алып тасланды. Бирақ, усы машқала және пайда болыўдан мен ол ҳаққында және дуўа етиўди баслайтуғын едим. Қудай маған балама
Сондай-ақ, мен балам ушын дуўа еткенимде Қудайдан өзимниң, жеке қәлеўлеримди орынлаўын сорамаўым керек екенин түсиндим. Бул мениң сораған нәрсем орынланған ўақытта ҳәммемиздиң қапашылықты бастан кешириўимизге алып келетуғын еди. Бәлким, көпшиликке: «Қудайым, мен Сеннен Кристофер ер жеткеннен кейин мениң жақсы досларымның қызына үйлениўин өтинемен», — деген түрдеги дуўа етиў таныс шығар
Төрт ярым жылдан кейин қызым Аманда туўылғанда мен усының менен балаға кереклини өз қәлеўим менен алмастырмай бала ушын дуўа етиўге әлле қашан Қудай тәрепинен үйретилген едим. Соның ушын мен қызым ушын белсенди сорандым. Кейинги он еки жыл даўамында Қудайға дуўа еткенимде ең таң қаларлық түрде жуўап берди ҳәм бүгин мен олардың нәтийжелерин көрип атырман.
Бизлер күйеўим менен балаларымызға Қудайдың ғамхорлық көрсетип атырғанын сеземиз, ал олар қуўаныш пенен Оны тән алады ҳәм ҳүрмет етеди, себеби ата-аналар балалары ушын дуўа еткен ўақытта Қудайдың күши олардың өмирине киреди.
Дуўа етиў дегенимиз не ҳәм ол қалай тәсир етеди?
Дуўа етиў — бул аспандағы мийримли ғарры адам ямаса Санта Клаус сыяқлы Қудайға усынылған әпиўайы қәлеўлер дизими емес. Дуўа етиў өмириңизде Қудайдың барлығын мойынлаўыңызды ҳәм Оның басқарыўын излеўиңизди талап етеди. Оның мәниси Қудайдың
Мухаддес Китап: «Сизлерге шынын айтып турман: сизлер жер бетинде нени байласаңыз, сол аспанда да байланады, және де, сизлер жер бетинде нени шешсеңиз, сол аспанда да шешиледи» (Матта 18:18), — деп айтады. Қудай бизлерге жерде бийлик береди ҳәм бизлер усы бийликти қабыл еткенимизде Ол бизлерге Өзиниң күшин де береди. Бул
Ийсаның атынан дуўа етиў — Қудайдың күшиниң ғәзийнесин ашатуғын уллы гилт: «…Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: Мениң атым менен Әкемнен не сорасаңлар да сизлерге бериледи» (Юхан 16:23). Ийсаның атынан дуўа етиў бизлерге душпанның үстинен бийлик береди ҳәм Қудай Өз Сөзинде ўәде еткенлериниң ҳәммесин орынлайтуғынына исениўимиз ҳаққында гүўалық етеди. Қудай бизлердиң ойларымызды ҳәм мүтәжликлеримизди биледи, бирақ Ол бизлердиң дуўаларымызға жуўап береди, себеби бәрҳа ҳәм ҳәмме нәрседе Оған Ийсаның атынан исениў ҳәм бойсыныўға қосымша бизлерге таңлаў ҳуқықын береди.
Дуўа етиў тек ғана
Жеке мүтәжлик дизиминен баслаң
Мен ҳәр балам ушын қурсағыма түскеннен баслап дуўа етип баслағанымды айтып өтиўим керек, себеби Мухаддес Китап: «…Ол …ишиңдеги халқыңды жарылқаған» (Забур 147:2), — деп айтады. Мен дуўа етиўдиң күшине исенгеним менен бир нәрсени: Қудайға бизлердиң өмиримиздиң ҳәр бир бөлеги қаншелли әҳмийетли екенин түсинбейтуғын едим. Тек ҳәзирги ушын дуўа етиў жетерли емес — келешек ҳаққында ҳәм өтмиштиң жаман ақыбетлеринен азат болыў ҳаққында дуўа етиў зәрүр. Даўыт патшаны қапашылық қоршағанда ҳәм келешек алдындағы қорқыныш бийлеген ўақытта (Забур 142-қа қараң) ол: «Қәне, не болса болсын», — деп айтпады. Ол Қудайға өзиниң ҳәзирги ўақты, өтмиши, келешеги ҳаққында жалбарынды. Ол
Мен буның ушын ҳәр бир баланың анық мүтәжлик дизими керек екенлигин түсиндим. Бул естен шықпайтуғын пикир болмады, себеби мен егер ҳәр бир мүтәжликке дуўа етпесем, Қудай маған жуўап бермейтуғынын билетуғын едим. Мен Қудайдың өзимниң көп санлы өтинишлеримди билетуғынына исенимли едим ҳәм сонлықтан тыныш едим. Бизлер пүткил шаңарағымыз бенен ҳәр жылы жағыста өткеретуғын дем алыс ўақтымызда мен ҳәр күни азанда еле ҳәмме уйықлап атырғанда турып бир неше қымбатлы саатларды өтиниш дуўаларымның баслы дизимин дүзип Қудай менен өткеретуғын едим. Мен океанға қарап, қолыма бир бет қағаз бенен қәлем услап отырып Қудайдан бир неше жылларға ҳәр бир балама өтинип дуўа етиў ушын өзиме даналық бериўин сорайтуғын едим. Себеби тек ғана Ол олардың ҳәр бириниң ҳәзирги ҳақыйқый мүтәжликлерин ҳәм келешек жолындағы барлық қыйыншылықларын билетуғын еди. Мухаддес Китап: «Ийемиз Өзинен қорқатуғынларға сырын ашады ҳәм келисимин билдиреди» (Забур 24:14), — деп айтады. Егер бизлер сорасақ, Ол бизлерге көринбейтуғын нәрселерди ашып береди. Мениң Қудай менен қатнаста болған сол таңғы саатларымда Ол маған бәрҳа жақсы нәсиятлар беретуғын еди ҳәм мен үйге ҳәр бир балама мүтәжлик дизимин дүзип қайтатуғын едим. Нәтийжеде мен бул дизимди бәрҳа толықтыратуғын едим.
Мен ҳәзирге шекем оларды сақлайман ҳәм оларды қайтадан көрип шыққанымда дуўаларыма жуўапларды ҳәм балаларымның өмириндеги өзгерислерди көргенимде, мен Қудайдың Өз Сөзине садықлығына және де исенемен.
Қудайдың сөзи — сизиң қуралыңыз
Балаларымыз ушын урыс әўладларда алып барылады. Биз дуўа етпегенимизде, балаларымыздың душпанның қарсы отлары астындағы урыс майданында қалай жүргенин сырттан гүзетип атырғандай боламыз. Бизлер дуўа еткенимизде болса, Қудайды оларға жәрдемге шақырып, олардың қасында жүремиз. Бизлер Оның Сөзлерин дуўаларымызда қолланған ўақтымызда, қәлеген душпанды жеңиўге уқыплы күшли қуралды қолымызға аламыз.
Қудайдың сөзи «…тири ҳәм тәсирли. Ол еки жүзли қылыштан да өткир…» (Еврей 4:12), ол тийген нәрсениң ҳәммесине суғылып киреди. Қудай: «…Аўзымнан шыққан Мениң сөзим, — ол Өзиме нәтийжесиз қайтып келмейди, ал Маған унайтуғынды орынлайды ҳәм неге жиберсем, соны ислейди» (Ийшая 55:11), — деп айтады. Дәл соның ушын усы китаптағы ҳәр бир дуўа етиўден кейин мен бир неше мухаддес китаплық аятларды орналастырдым. Мен дуўа етиўге Мухаддес Жазыўдан сәйкес келетуғын аятларды қосыўдың қандай әҳмийетли екенин билемен. Егер сизлер дуўа етиўдиң ўақтында өзиңизге керекли аятты еслей алмасаңыз, дуўа етиўди тоқтатпаң, ал билетуғын бир-еки аятты айтың ҳәм сиз қандай кәраматлардың жүз бере баслайтуғынын көресиз.
Егер сиз Қудайға мүрәжат етип, Оның Сөзин оқысаңыз ҳәм егер сиз балаларыңыз ушын Мухаддес Руўхтың басқарыўы астында дуўа ететуғын болсаңыз, сизге Мухаддес Жазыўдан дуўа етиўге қосыўға болатуғын таза жерлер ашылады. Ҳәр бир дуўа етиўде Мухаддес Жазыўдың қандай да таза аятын қолланыў онша шәрт емес. Балаңыздың қандай да бир машқаласының шешилиўине дуўа етип атырғаныңызда бир ямаса еки аятты ядлап ҳәм оларды айтыўыңызға болады. Мысалы, қызымның мектебинде қыйыншылықлар болған ўақытта, бизлер оның менен бирге оларды жеңиў ушын дуўа еттик ҳәм ҳәр сапары Аманда мениң мәсләҳәтим бойынша: «Маған күш-қуўат беретуғын Ийса Масих пенен бирге ҳәмме нәрсени ислей аламан» (Филип 4:13), — деген қатарды қайталайтуғын еди. Мен бир өзим дуўа еткенимде, келеси: «Әдиллер өтиниш етсе Жаратқан Ийе еситеди, барлық қыйыншылықлардан сизлерди қутқарып алады» (Забур 33:18), — деген аятты оқыйтуғын едим.
Дуўа еткенде Қудайдың сөзин пайдаланып, бизлер балаларымыздың өмиринде Қудайдың ўәделериниң орынланыўына кепил бола аламыз. Қудайдың сөзи бизлерди алып жүреди, бизлерге Оның ҳақлығы ҳаққында еслетеди. Усылай етип, Ол
Шайтанға жуўап берип, Ийса оны Мухаддес Жазыўдың сөзлери менен әшкаралады. Мысалы, шайтан Ийсаға: «Егер маған табынсаң, ҳәммеси Сеники болады», — деп айтқан ўақытта, Ийса: «…Мухаддес Жазыўда: „Қудай — Ийеңе сыйынып, тек Оған хызмет ет“, — деп айтылған ғо» (Лука 4:8), — деп жуўап берди.
Ийса — бизлер ушын ҳәмме нәрседе үлги. Бизлер Оған қараўға ҳәм Оған еликлеўге шақырылғанбыз. Ол: «Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: Маған исенген адамның өзи де Мен ислеген ислерди ислейди, ҳәтте, олардан да үлкенирек ислерди ислейди. Себеби Мен Әкеме баратырман» (Юхан 14:12), — деп айтты. Сондай-ақ, Ол: «Егер сизлер Менде болып, Мениң сөзлерим сизлерде болса, қәлегениңизди сораңлар, сизлерге бериледи» (Юхан 15:7), — деп айтты. Бизлер, егер Қудайдың бизлерге Өз Сөзинде берген ўәсиятларына тийкарланып дуўа етсек ҳәм егер өзлеримиздиң Ийса Масихта ийе болған күш ҳәм бийлигимиздиң мәнисин дурыс түсинсек, шайтанға батылырақ қарсы тура аламыз. Егер бизлер…
Оған
Оның жоллары менен
Оған
Оған
Балалар ушын қашан болса да дуўа еткен ўақтыңызда, ол ушын пүткил өмири усыған байланыслыдай етип дуўа етиң, себеби
Әлбетте, егер бизлер балаларымызды ҳақыйқат жолына үйретпесек, егер оларды Қудайдың ўәсиятларын ҳүрмет етиўге, Қудайға унайтуғын шешим ислеўге үйретпесек, оларды тәртипли болыўға үйретпесек, егер оларды басқармасақ ҳәм бағытламасақ, шайтан бизлерге күшли зыян келтириўге уқыплы. Мухаддес Китап: «Баланы туўры жолға салып тәрбияла, сонда қартайғанда да жолдан адаспайды» (Нақ. мақ. 22:6), — деп айтады. Егер бизлер ата-ананың усы ўазыйпасын орынламасақ, балаларымыз көтерилис шығарыўы ҳәм натуўры шешим ислеўи мүмкин, бул тәбийий, оларды Қудайдың қорғаўынан айырады. Балаларды Қудайдың жолларына ҳәм Қудайдың сөзине дурыс тәрбиялаў ҳәм үйретиў — шайтанның емес, ал Қудайдың нийетиниң әмелге асыўының гиреўи. Мухаддес Китап бизлерге: «…Шайтанға қарсы турыңлар, сонда ол сизлерден қашып кетеди» (Яқып 4:7), — деп үйретеди. Шайтанды дуўа етиў менен байлаў ҳәм оның жобаларын бузыў — руўхый урыстың ажыралмас бөлеги. Бизлердиң шайтанға қарсы турыўымыз балаларымызды азат етеди ҳәм оларға Қудайдың жолын таңлаўға мүмкиншилик береди.
Балаларымыздың өмирине кириўди қәлеп, шайтан оларды айыплаў ҳәм ҳүким етиўге бәрҳа сылтаў излейди. Бирақ ол Қудайдың сөзи сыяқлы қуралдың алдында бойсынады. Мухаддес Китап: «Сонда мен аспанда бәлент бир даўыстың былай дегенин еситтим: „Қудайымыздың қутқарыўы, қүдирети, патшалығы ҳәм Масихының ҳүкимдарлығы енди орнады. Өйткени туўысқанларымыздың айыплаўшысы, оларды Қудайымыздың алдында күни-түни айыплаған шайтан жерге ылақтырылды“» (Аян 12:10), — деп айтады. Өзиниң атанақтағы өлими менен Ийса Қудайдан оларға берилген бийлик — шайтанның қорғанын бузыў бийлиги ҳаққында ҳеш нәрсе билмейтуғынлардың жанларын ийелеў ушын еле де жетерли күшли болыўына қарамастан, жалақордың белин бузды. Дәл усы жерде дуўа еткенлеримиз урысқа түседи. Балаларымыз, бизлер жалахордың тиклеген қорғанын дуўа етиў менен бузып, Қудайдың сөзи болған күшли қуралды қарсы қолланыўды баслайман дегенше қәўип астында болады.
Еситилген дуўа етиўдиң анық мысалы
Бизлердиң ибадатханамыз үлкен, ҳәм киши дуўа етиў топарларын шөлкемлестирди ҳәм баламыз еки жасқа толғанда бизлер күйеўим менен усындай топарлардың бириниң жыйналысын күнде үйде өткеретуғын едик.
Бизлер әсте-ақырын мынаны түсине басладық: топардың мүтәжликлери айына бир рет жыйналып оларды қамытыў ушын көплик етти. Сол себепли бизлер айына және бир рет тек дуўа етиў ушын жыйналыўға қарар еттик. Бул ушырасыўларда бизлер ҳәр бир мүтәжликке дуўа ететуғын едик, бирақ дуўа етиў мүтәжликлериниң ҳәм ата-аналардың балаларына өтинишлериниң саны сондай көп болғанлықтан бизлерге ҳәр бир балаға дуўа етиў ушын және толық бир күнди ажыратыўға туўра келетуғын еди. Бизлер бул хызметти «Балаларымыздың өмири ушын өтиниў» деп атадық. Ол соншелли атақлы болғанлықтан, бизлерге бәрҳа таза адамлар келетуғын еди. Ҳақыйқатында усы китаптың идеясы сол дуўа етиў топарларында жигирма жыл алдын туўылды. Бизлердиң биргеликтеги дуўаларымыздың нәтийжелери алып келген сол жемисин бизлердиң ҳеш қайсысымыз көз алдымызға келтире алмайтуғын едик. Бизлер балаларымыз ушын өтиниўди үйренип тек Қудайға еретуғынымызды билетуғын ҳәм дуўа еткенимизде көплеген жуўапларды көрип қуўанатуғын едик (Балаларға топарлық өтиниў ушын дуўа етиў жыйналысын қалай шөлкемлестириў сүўретленген, «Балаларыңызға басқа ата-аналар менен бирге дуўа етиў» қосымшасына қараң).
Мухаддес Китап: «…жер бетинде сизлердиң екеўиңиз келисип не сорасаңыз, аспандағы Әкем соны береди» (Матта 18:19), — деп айтады. Және: «Биреў мыңды қалай гүзете алар еди ҳәм екеўи қараңғылықты қуўады…» (Ныз. қайт. 32:30), — деп айтады. Балалары ушын Қудайдан бирге сораўға жыйналған он-он еки ата-ананың топарлық дуўасының күши қаншелли уллы екенин санаў ушын уллы математик болыўдың кереги жоқ.
Усы китапқа эпиграф сыпатында Мухаддес Жазыўдан алған аятта Қудай: «Қудайдың алдында жүрегиңди суў сыяқлы төк, балаларыңның жаны ҳаққында Оған қолыңды соз…» (Ерем. жасы 2:19), — деп айтады. Дәл усындай —
Кейинги жигирма жылда топарымыздың дуўа еткенине алған жуўаплары соншелли көп болғанлықтан, ата-аналар ҳәм балалардың гүўалықларынан толық китап дүзиў мүмкин еди. Олардың бирин мен айрықша жақсы еслеймен, себеби бул бизлердиң топарлық турақлы өтинишимиздиң
Жалғыз баслы ана Нэнси бизлерден алдын исениўши болған, бирақ ата-анасының ажырасыўы себепли келип шыққан кеўил қалыў ҳәм аўырыўдан соң Қудайдан жүз бурған қызы Джанет ушын дуўа етиўимизди сорады. Бизлер Қудайдың мийриминен шыққан балалардың үлкен қәўипке дуўшар болатуғынын билгенлигимизден Джанетти қорғаўы ушын дуўа еттик. Бир күни түнде Джанет бир өзи гүзар жол бойлап машинаны басқарып киятырғанда аварияға ушырады, оның машинасына үлкен тезликте қарама-қарсы киятырған мәс айдаўшының машинасы келип урылды. Шыпакерлер буны кәрамат деп атады, себеби Джанет жүдә аўыр жарақат алған болса да тири қалған еди.
Узақ емлениў курсынан соң Джанет физикалық ҳәм руўхый жақтан толық саўалды. Бизлердиң ҳәммемиз ҳәм оның анасы өзлеримиздиң ол ушын өтинишимиз болмағанында сол бахытсыз ҳәдийседен кейин оның тири қалыўы мүмкин емеслигине исенимли едик. Ол әўметли турмысқа шықты, оның әжайып күйеўи ҳәм қызы бар, ал Джанеттиң өзи болса енди ақ кеўил масихый. Ол бизлердиң елшилигимизде сегиз жыл хаткер болды ҳәм оның өмири ҳәммемизге ата-ана дуўа етиўиниң күши ҳаққында бәрҳа еслетеди.
Дуўа етиўлер жуўапсыз қалған ўақытта
Дуўа етиўши ата-аналар ушын ең аўыр сынақ дуўа еткен нәрселерине жуўап күтиў болып табылады. Айырым ўақытлары жуўаплар тез келеди, бирақ көбинесе улыўма керисинше болады. Бундай жағдайларда бизлер жийи қапа боламыз ҳәм Қудайға да ашыўланамыз. Ҳәммеси үмитсиз болып көринеди ҳәм бизлер жеңилиўге таяр боламыз. Айырым ўақытлары дуўа етиўлеримизге қарамастан, бизлер балаларымыздың қәтеликке жол қойып, кейин кеўил қалыўдың ашшы жемисин алғанын көремиз.
Егер балаңыз надурыс таңлаў ислеген болса өзиңизди айыпламаң ҳәм дуўа етиўди тоқтатпаң. Балаңыз бенен сәўбетлесиўди даўам етиң ҳәм ол ушын сораның, оны Қудайдың сөзине үйретиң. Жеңилмең, ал керисинше, жеке ҳәм топарлық дуўа етиўде
Дуўа етиўде турақлылықтың ең тәсирли гүўалықларының бири Даўыттың мына: «Душпанларымның артынан қуўып жеттим, ҳәммесин өлтирмегенше қайтып келмедим. Олар жеңилип, қайтадан тура алмады. Аяғымның астына қулады. Урысыўға маған күш-қуўат бердиң, душпанларды алдыма бас урғыздың» (Забур 17:38-40), — деген сөзлери болып табылады. Даўыт мақсетине жетемен дегенше дуўа етиўди тоқтатпады ҳәм бул бизлер ушын үлги. Бизлер жуўап аламан дегенше дуўа етиўге шақырылғанбыз.
Егер сиз балаңыз себепли өзиңизде Қудайға деген ғәзеп ҳәм өкпени сезсеңиз (бул сүйиўши ата-аналарда да жийи гезлеседи), Оған бул ҳаққында айтың. Оннан өзиңиздиң кеўил қалыўыңыз ҳәм қапашылығыңызды жасырмаң; өзиңизде жаман күшли сезимлерди усламаң. Қудай менен өзиңиздиң сырлы сезимлериңиз бенен бөлисиң, өзиңизди кешириўди ҳәм енди не ислеў кереклигин көрсетиўин сораң. Ең баслысы: жүрегиңизде орналасқан кеўил қалыўдан қолларыңыздың төмен түспеўине ҳәм дуўа етиўди тоқтатпаўға итибар бериң.
«Минсиз» емес, ал «дуўа етиўши» ата-ана
Балаларымыздың өмиринде қандай да бир нәрсе келиспесе, бизлер өзимизди айыплы сезип, минсиз ата-ана емеслигимиз ушын өзимизди кейиймиз. Бирақ ата-ананың минсизлиги баланың өмирин оның ийгилиги ушын өзгерте алмайды, себеби минсиз ата-ана болмайды. Бизлердиң ҳеш қайсысымыз минсиз емеспиз, солай екен, бизлер қалай минсиз бола аламыз? Ата-ананың
Егер сиз ата-анасы ол ушын дуўа етпейтуғын баланы билсеңиз, ҳәзирдиң өзинде оның өмириндеги усы бослықты толтырып, оның мүтәжлигин қанаатландырыўды баслаўыңызға болады. Сиз жүрегиңизге жақын болған қәлеген баланың өмирине қорған бола аласыз. Тек жүрегиңниң төринен: «Қудайым, усы баланың өмири жақсы тәрепке өзгериўи ушын қалай дуўа етиўди маған көрсет», — деп бақырыўың керек. Буннан кейин усы китапта усыныс етилген дуўа етиўден пайдаланың ҳәм Мухаддес Руўх сизди қаяққа алып баратуғынын гүзетиң.
Ҳәр бир баптың соңында мен сиз ушын дуўа етиўдиң үлгисин жайластырдым. Сиз бир ай ямаса бир ҳәпте даўамында күнде бир дуўадан дуўа етиўиңиз мүмкин ямаса ҳәзирги ўақытта балаңыздың ең өткир машқаласына итибарыңызды жәмлеп, келеси мүтәжликке өтиў ушын сизге белги болатуғын жеңиллениўди сеземен дегенше оның шешилиўи ушын дуўа етиң.
Усы дуўа етиўди мүмкин болса жийи қайталаң. Қудай: «Маған бәрҳа бир өтиниш пенен келе берме», — деп айтпайды. Керисинше, Ол бизлерге бәрҳа дуўа етиўди буйырады, бирақ дуўа етиўдеги мәниссиз қайталаўларға жол қоймайды.
Өзиңиздиң қатаң дизимди услаўға ямаса тек усы китапта келтирилген дуўалар менен дуўа етиўге миннетли емес екениңизди билиң. Олар сизлерге алға жүриў ушын ийтериле алыўыңызға үлги сыпатында усыныс етиледи. Бирақ алдын өзиңизди Қудайдың алдында сөзсиз бойсындырың ҳәм Оннан Өзи көриўди қәлейтуғындай ылайықлы ата-ана ҳәм сораныўшы болыўыңызға жәрдем бериўин сораң. Мухаддес Руўх сизди басқаратуғынындай балаңыздың Мухаддес Руўхтың сизди дуўа етиўге шақырған мүтәжликлери ушын дуўа етиң. Мен сизлердиң дуўа етип алған жуўапларыңыз ҳаққындағы гүўалықларыңызды сабырсызлық пенен күтемен.
«Сизлер Мени емес, Мен сизлерди таңладым. Барып жемис берсин ҳәм жемиси турақлы болсын деп, сизлерди тайынладым. Солай етип, Мениң атым менен Әкеден не сорасаңлар да, Ол сизлерге береди».
«Әдил адам пәк жүреди, оның балалары қандай бахытлы!»
«Әке Улы арқалы уллыланыўы ушын, Мениң атым менен не сорасаңлар да, ҳәммесин орынлайман. Мениң атым менен бир нәрсе сорасаңлар, Мен оны орынлайман».
«Ҳәй әкелер, балаларыңыздың ашыўын келтирмеңлер. Оларды Ийемиздиң тәлим-тәрбиясы менен өсириңлер».
«Қутқарылыў дуўлығасын ҳәм Қудайдың cөзи болған Мухаддес Руўхтың қылышын алыңлар. Ҳәр түрли тилек ҳәм жалбарыныў менен, Мухаддес Руўхтың басқарыўында ҳәмме ўақыт дуўа етиңлер. Усы мақсет пенен сергек болып, пүткил исениўшилер ушын табан тиреп сораңлар».
2-бап
Биринши балам туўылғаннан кейин мен ол ушын ҳәр күнги қәўетерлерим себепли тынышлығымнан улыўма айрылдым. Мен оны биреў ийтерип жибериўинен, моншада шөгип кетиўинен, өлетуғын аўырыў менен аўырыўынан, оны аўқатландырыўды умытып кетиўимнен, оны ийт тислеп алыўынан, оның автомобиль апатына ушыраўынан, оны урлап кетиўинен ямаса оның жоғалып кетиўинен қорқатуғын едим. Қудайға бойсыныўды қәлеўге қарағанда үмитсизликтен мен Оған жалбарындым. Ол сол ўақытта маған Кристофердиң — Өзиниң бизлерге сыйы екенин ҳәм баламызға бизлерден де көбирек ғамхорлық ететуғынын еслетти. Мениң есиме мухаддес китаплық: «Барлық ғам-тәшиўишлериңизди Оған тапсырыңлар…» (Петр. 1-х. 5:7), — деген ўәсият түсти.
«Қудайым, дүньяда ҳәммесинен көбирек мен балам ҳаққында қәўетерленемен, соның ушын мен оны Сениң қолыңа тапсыраман, себеби оны тек Сен дурыс тәрбиялап ҳәм оған толық қәўипсизликти тәмийинлей аласаң. Мен ата-аналық қыйыншылық жүгин жалғыз алып жүриўди қәлемеймен; мен буны Сениң менен орынлаўды қәлеймен».
Сол мени қорқыныш қоршаған күннен баслап мен буны дуўа етиўдиң басланыўына хабар бериўдей қабыл етип ҳәм жүрегимде тынышлық боламан дегенше дуўа ететуғын едим. Егер меннен қәўетер кетпесе, мен Қудайдың тынышлығы жаныма тынышлық орнатаман дегенше Қудайдағы сиңлилерим менен бирге дуўа ететуғын едим ҳәр күни мен баламды Қудайдың қолына беретуғынымды айтып, Аспандағы Әкеден оған ғамхор болыўын сорайтуғын едим. Бул мениң ийнимдеги жүкти алатуғын еди ҳәм мен өзимди бахытлы ана деп сезе баслайтуғын едим.
Мен балаларым ушын усы дуўа етиўди көп жыл оқыдым. Мен усы дуўа етиў менен сол, оларды биринши мәрте екшембилик ибадатхананың топарында қалдырған таңда, күни-түни ислейтуғын бақша топарында бала бағыўшының қараўында қалдырғанымда, биринши балалар бақшасына алып барғанымда, жараларына тигис қойыў ушын оларды шыпакердиң ханасында қалдырғанымда, олар өзлериниң биринши дем алысында досларына кеткенде, сол жерден похотқа барыў ушын Вашингтонға ушып кеткенинде, оларды кемпингке шығарып салғанымда, балам биринши мәрте шаңарақ автомобилиниң рулине отырғанда ҳәм ҳәр сапары ол футбол ойнағанында дуўа ететуғын едим.
Жақында мен Кристоферди колледжге кетиўге атланған ўақытта Қудайдың қолына және бердим. Ол кетпестен алдын мен айралық ўақтын көз алдыма келтирип бир неше ай жылаған едим. Мен ол кеткеннен кейин пүткил өмиримиз қатты өзгеретуғынын алдын ала сезип турар едим. Бирақ усы ўақыядан азғана ўақыт алдын Қудай маған: «Демек, сизлер қуўаныш пенен шығып, тынышлық пенен шығарып саласыз; таўлар ҳәм төбешиклер сизлердиң алдыңызда қосық айтады…» (Ийшая 55:12), — деген сөзлерди ашты. Соның менен бирге Ол маған айралық азабынан кейин маған да, оларға да ҳәм тынышлық келетуғынын ашты. Балаларымыз өмирдиң қайсы басқышында болмасын, оларды Қудайдың қолына тапсыра отырып,
Мен балаларымды Қудайдың қолына еле көп мәрте тапсырыўыма туўра келетуғынын билемен. Мен ушын олардың өмириндеги ең әҳмийетли ўақыя, әлбетте, олардың шаңарақ қурыўы болады. Бул ҳаққында ойлап отырып Қудайдан, мен өзине бала жибериўин сораған Анна ҳаққындағы ўақыяны еске аламан. Қудай оның дуўа етиўлерине жуўап берди ҳәм ол Самуелди туўды. Кейин Анна: «…усы бала ушын мен дуўа еттим ҳәм Қудай Өзинен сорағанымды орынлады; ҳәм мен оны өмириниң ақырына шекем Қудайға хызмет етиў ушын беремен, ҳәм сол жерде Қудайға сыйынды» (1 Пат. 1:27-28), — деп айтты.
Анна баласын Қудайға бағышлаўға ўәде берди ҳәм ол емшектен шыққаннан кейин оны руўханый Илияның қараўы астына Қудайдың үйине алып барды Сол тәризде ол өз ўәдесин орынлады. Бирақ қәўетерлениўдиң кереги жоқ (ямаса, керисинше, үмит етиўдиң): Қудай сизиң балаңызды пастор ҳәм оның ҳаялының тәрбиясына ибадатханада қалдырыўыңызды талап етпейди. Гәп Анна өз баласын Қудайға бағышлағанында, ал кейин Оның буйырғанын орынлағанында. Нәтийжеде Самуел усы жерде болған Қудайдың уллы пайғамбарларының бири болды.
Бизлер оларды өзлеримизге байлап ямаса оларды өз күшимиз бенен тәрбиялаўға ҳәрекет етип, балаларымыздың өмирине Қудайдың араласыўын шеклемеўимиз керек. Егер сизлер Қудай балаларыңыздың өмирин басқарыўына исенимли болмасаңыз, олар ушын қорқыныш сизлерди қоршап алады. Тек балаларды босатып жиберип, Қудайдың олар менен еркин қатнаста болыўына ҳуқық берсек ғана, бизлер Қудайдың басқарыўына исенимли бола аламыз. Усыған ерискеннен соң ғана сиз, егер тек Оның Сөзине келискен ҳалда жасасаңыз, Оның жолы менен жүрип ҳәм дуўа еткениңизде Оған барлық тәшиўишлериңизди аша аласыз. Бизлер Қудайға үмит етиўимиз керек, себеби Ол балаларымызға бизлерге қарағанда жақсырақ ғамхорлық ете алады. Балаларымызды Аспандағы Әкениң қолына тапсырып ҳәм Оның бийлигин мойынлағанда ғана, бизлер ҳәм бизлердиң балаларымыз жүреклеримизде шексиз тынышлыққа ийе боламыз.
Бизлер ҳәмме жерге үлгере алмаймыз, бирақ Қудай үлгереди. Бизлер ҳәммесин көре алмаймыз, бирақ Қудай көреди. Бизлер ҳәммесин биле алмаймыз, бирақ Қудай биледи. Егер балаларымыздың жасына қарамай оларды Қудайдың қолына тапсырсақ, бизлер усының менен өзлеримиздиң Оған исенимимиз ҳәм исениўимизди гүўалық етемиз ҳәм усылай етип олардың өмириниң өзгериўине биринши қәдемди таслаймыз. Балалар ушын дуўа етиў усыдан басланады.
Мени таслап кетпегениң ҳәм маған баламды (қызымды) тәрбиялаўда Өзиңниң серигиң болыўыма жол бергениң ушын Саған миннетдарман. Адамлардың усыныс ететуғын исенимсиз ҳәм бәрҳа өзгеретуғын бала тәрбиялаў усылына сүйенбей, ал Сениң нәсиятларыңа ерип, Сениң жуўап ларыңды күткен ўақытта даналық ҳәм билимге ийе бола алатуғыным ушын Саған миннетдарман.
Қудайым, Сениң қымбатлы сыйың — балам ушын Саған миннетдарман. Сениң Сөзиңде өмирдеги ҳәр бир жақсы сый Сеннен берилгени айтылған, оған ғамхор болыўым ҳәм тәрбиялаўым ушын маған усы баланы бергениңди билемен. Бунда маған жәрдем бер. Оған қай жерде өз еркимди өткерип атырғанымды көрсет ҳәм баламды өмирде Өзиң алып жүриўиң ушын оны Сениң ғамхорлығыңның астына тапсырыўыма жәрдем бер. Мүмкин болған түрли қәўиплердиң алдындағы қорқыныштан мени азат ет ҳәм барлығын Өз қолыңда услап турғаныңды билиўим арқалы маған қуўаныш ҳәм тынышлық бер. Мен ҳәмме нәрседе Саған сүйенемен ҳәм бүгин баламды (қызымды) Саған исенип тапсыраман, оны Сениң қолыңа беремен.
«Өзлериңиз жаман бола тура, балаларыңызға жақсы сыйлар бериўди билсеңиз, онда аспандағы Әкеңиз Өзинен сорағанларға қаншелли көп ийгиликлер береди».
«Ал Өзинен терең қорқатуғынларға Жаратқан Ийениң мийрими мәңги жаўылады. Өзи менен келисимин бузбайтуғын, буйрықларын есинде сақлайтуғын адамның келешектеги урпақларына да Қудайдың әдиллиги жетип турады».
«Олар бостан — босқа мийнет етпес, Бахытсызлық ушын балаларын туўмас. Себеби өзлериде, балаларыда Жаратқан Ийемиздиң жарылқаған халқы болар Ҳәм әўладлары олар менен бирге болар».
«Уллар — ийгилик Жаратқан ийеден келген. Балалар — Оның сыйы мийрим менен берилген».
«Ҳәм Оннан не сорасақ та аламыз. Себеби бизлер Оның буйрықларын орынлап, Оған унайтугын нәрселерди ислеп атырмыз».
3-бап
Биз балаларымыз ушын ең қызғын дуўа еткенимизде көбинесе Қудайдан оларды қорғаўын сораймыз. Егер жүрек олардың жеке қәўипсизлиги ушын қәўетерлениў менен толы болса, онда балалардың қандай да бир машқаласын шешиў қыйын. Егер усы келешектиң келетуғынына исенимли болмасақ, бизлер олардың келешеги ушын қалай дуўа ете аламыз?
Бизлер Кристофер он жети, ал Аманда он еки жасқа толаман дегенше Лос-Анджелесте жасадық ҳәм усы жылларда мен олар ушын бәрҳа қорқатуғын едим. Сол ўақытта жынаятшылықтың дәрежеси турақлы өсип барар еди ҳәм жетерли дәрежеде тыныш деп есапланған бизлердиң регионымыз да маған ҳеш қандай исеним бермейтуғын еди. Соның ушын мен усы машқала ҳаққында күнде дуўа еттим. Ҳақыйқатында мен олар қурсағыма түскен ўақыттан баслап нәрестелигинде олар менен ҳеш қандай қорқынышлы нәрсе болмаўы ушын балаларымның қәўипсизлигине өтиниш ете басладым. Олар өсе баслағанда мен Қудай оларды зорлықтан, бахытсыз ҳәдийселерден қорғаўы ушын дуўа еттим: «…қанатыңның астына ал. Топылыс ислеген жаўызлардан мени қорға, әтираптағы жанды алыўшылардан сақла» (Забур 16:8-9-ға қараң).
Аманда ҳәм Кристофер, басқа балалар сыяқлы жығылды, дизелерин урды, жарақатлар алды, шыпакерге мүрәжат етип ҳәм тигислер қойдырыўға туўра келген бир неше аўыр жағдайлар да болды. Бирақ аўыр жарақатлар оларды шетлеп өтти. Мен усы китаптың алғы сөзинде айтып берген жол апатына бир күни балам дус боламан дегенге шекем усылай болды. Бир күни азанда, баламды ҳәм қызымды мектепке шығарып салғаннан кейин — олардың ҳәр бири өзлериниң классласлары менен кетти — ҳәм мен үйге қайтып келгенимде, көпшилик ата-аналар сондай қорқатуғын телефон қоңыраўы шалынды.
«Миссис Омартиан, балаңыз бенен ҳәммеси жақсы, бирақ ол аўыр апатға ушырады ҳәм ҳәзир емлеўханада. Қарсы алдынан соқлығыс жүз берди, оның үстине машинадағы үш баладан ҳеш биреўи қәўипсизлик белбеўин тақпаған».
Емлеўханаға жолда баратырып бизлер күйеўим менен олар үшеўи ушын дуўа еттик. Мен усыдан алдын көп мәрте Кристоферге қол қойып ҳәм Қудай оны автомобиль апатларынан қорғаўы ҳаққында дуўа еткенимизди еске алдым. Мен Мухаддес Жазыўдағы өзлеримиз айтқан: «…периштелерине буйрық берер, баратуғын барлық жерлеринде сени қорғасын дер. Аяғыңды тасқа урып алмаўың ушын, олар сени қолларында көтерип алып кетеди» (Заб 90:11-12), — деген аятты еске түсирдим. Қудай дуўа еткенимизде жуўап береди. Оның ўәделери орынланады. Мен бул ҳаққында билетуғын едим. Егер Кристофер апатқа ушыраған болса, Қудай Өзиниң периштелери менен оның қасында болып ҳәм оны қорғаўы керек еди. Мен Қудайдан қорқатуғын әдил адам ҳаққында Мухаддес Китаптың не айтатуғынын да еске түсирдим: «Сондай адам қәўип-қәтерден қорықпайды, Ийемизге исенип жүреги екиленбейди» (Забур 111:7). Сонда мен неге екенин түсинбесем де тынышландым. Мениң жанымда Қудайдың тынышлығы орнады.
Емлеўханаға келип, бизлер Кристофердиң апат ўақтында дизесинде спорт формасы салынған үлкен сумканы услап, артқы отырғышта отырғанын билдик. Тап сол сумка алдыңғы отырғыштың артына урылыўды жумсартқан көпшик болды, солай етип баламыз дизеси урылыў ҳәм арқасындағы жара менен қутылды. Самаллататуғын айна арқалы ылақтырылған, алдыңғы отырғышта отырған бала аўыр жарақат алды. Ал, рульде отырғаны рульге урылып бетин қатты жаралады. Автомобиль толық пашақланған еди.
Бизлер ҳәм зыян көрген балалардың ата-аналары өзлеримиздиң машинадағы қәўипсизлик белбеўин тағыў ҳаққында қатаң көрсетпелеримизден кейин де балаларымыздың ҳеш қайсысының буны ислемегенине таң қалған едик. Егер олар бизлерге қулақ асқанында, бәлким, улыўма зыян көрмеген болар ма еди. Бирақ бизлерди өзлеримиздиң дуўа етиўимиз арқалы балаларымыздың тири қалғаны қуўандырды.
Сизиң дуўа етиўиңиз балаларыңыздың кеўилсизликтен қашатуғынына кепил бола алмайды. Әлбетте, балаларымызға аўырыўды бастан өткериўге
Дуўа етиўимиздиң тәсирлилигиниң баслы шәрти — Қудайдың сөзи, ол бизлерге тынышлық береди. Мен Лос-Анджелесте жасағанымызда шаңарағымды ҳәм өзимди жаўызлықтан қорғаўы ушын неше мәрте дуўа еткенимди санай алмайман. Ҳәр сапары Қудайдан шеги жоқтай болып көринетуғын зорлықтан бизлерди қорғаўын сорап, мен Мухаддес Жазыўдағы: «Қудайым… душпанларымнан мени аман сақлап қалған, мени қарсыласларымнан жоқары қойдың, жаўыз адамнан мени қутқардың» (Забур 17:48-49) ҳәм «Маған мийримин көрсеткени ушын, қоршалған қалада қорғағаны ушын Жаратқан Ийе алғыслансын» (Забур 30:22), — деген қатарларды айтатуғын едим.
Калифорнияның және бир апаты — бул жер қозғалысы. Ҳәр сапары уйықламастан алдын мен шаңарағымды олардан сақлаўын Қудайдан сорайтуғын едим. Мени түнниң ортасындағы күшли силкинис оятып жиберди ҳәм әтирапта ҳәммеси шайқалып атырған ўақытта мен қорқынышта, толық қараңғылықта ояндым. Бул гүлдирмаманың гүлдирлисине қарағанда қорқынышлырақ шаўқым менен қосылып шықты. Бундайды умытыў мүмкин емес; бул ядымызда улыўма қалады. Мен Мухаддес Жазыўдың: «Қудай — бизлердиң панамыз ҳәм күшимиз, аўыр ўақытта исенимли жәрдемшимиз. Сол себепли бизлер уўайымлап қорықпаймыз, дүньяның астан-кестени шықса да, таўлар теңиз туңғыйығына қуласа да» (Забур 45:2-3), — деген қатарлар менен пүткил шаңарағым ушын дуўа етпестен алдын уйқыға жатпайтуғын едим. Мухаддес Жазыў бахытсызлықлардың арасында Қудайдың қорғаўын ўәде еткени менен, мен Қудайдан көбирегин сорайтуғын едим: «Қудайым, мен Сеннен жер силкиниўи
1994-жылы 17-январьда Нортриджде жер силкиниўи болмастан алдын сол жерден кеткен ўақтымызда мен Қудайдың усы дуўа еткенлериме жуўап бергенине исенимли болдым. Бир неше айдан кейин мен балаларым менен ўайранаға айналған сол жерлерде болдық ҳәм болған ўақыядан қорқынышқа түстик. Бизлер жасаған үй пүткиллей қыйраған еди. Мениң дуўа еткенлериме жуўап берип, Қудайдың мийримли қолы бизлерди сол жерден шығарып ҳәм қутқарған ўақытта Қудайдың күши ҳәм Оның мийриминиң ҳәрекетине таң қалған едик.
Егер бизлер жер силкиниў зонасында болғанымызда Қудай бизлерди басқа көпшилик адамларға Өзиниң мийримин көрсеткени сыяқлы қорғайтуғынына исенетуғын едим. Бахытсызлық ҳәмме жерде болады. Ең баслысы — Қудайға сүйениў, дуўа етиў ҳәм Оның жуўапларын күтиў.
Бизлер дуўа еткен ўақтымызда өмиримизде не болса да өзгереди, ал дуўа етпеген ўақтымызда болса ҳеш қандай өзгерис болмайды. Егер бизлер дуўа етпегенде балаларымыз бенен не болар еди ямаса болмас еди? Келиң, буның қашан болатуғынын күтпейик. Келиң, ҳәзирдиң өзинде дизерлейик.
«Әдил Қудайдың панасында турған адам, Қүдиретлиниң саясынан табады тыным. Мен Жаратқан Ийеге былай айтатуғын боламан: „Қорғаным ҳәм панам мениң, Қудайым, Саған исенемен“».
«Суўлардан кешип өтсең де, Мен сениң менен бирге боламан. Дәрьядан кесип өтсең де, батып кетпейсең. От ишинен жүрсең де жанып кетпейсең, Себеби отлар сени жандыра алмас».
«Саған қарсы исленген барлық қурал жарақсыз болар, Қазыханада саған қарсы болған ҳәр бир тилден сен үстин шығарсаң. Жаратқан Ийеге қуллық ететуғынлардың нәтийжеси усындай болар: «Олардың ақланыўы Меннен болады» — дейди Жаратқан Ийе».
«Сен: „Жаратқан Ийе қорғаным мениң“, — дедиң Қудиретлини „қорғаўшим“ деп таңладың Саған жаманлық келмейди, үйиңе апат жақынламайды.
«Орныма жатып, тәшиўишсиз уйықлайман, кейин оянып тураман қайтадан, себеби мени Жаратқан Ийе қорғайды».
4-бап
Ең аўыр сынақлардан бири балаларымыздың ойларына шама менен төмендегише: «Ҳеш ким мени жақсы көрмейди», «Ҳеш ким мени баҳаламайды», «Мен ҳеш кимге қызық емеспен», «Мен ҳеш нәрсеге жарамайман», «Мен қатты семизбен» («қатты арықпан», «қатты узынман», «жүдә кишимен»), «Мен ақмақпан», «Мен қатты ақыллыман» ҳ. т. б түринде көринетуғын ҳақыйқаттың астында жасырынатуғын өтирик кирген ўақытта, усыларды басынан өткериўге туўра келеди. Усы түрдеги қәлеген өтирик олар 12–13 жасқа толған ўақытта балаларымыздың санасына сиңеди ҳәм жийи ер жеткенен кейин де, олар еле оның бийлигинде болады. Соның ушын мен балаңыздың өзин сүйикли ҳәм керекли сезиўи ушын дуўа етиў ҳеш қашан кеш болмаўына исенемен; ол өзин ең алды менен Қудайдан, кейин шаңарағынан, кейин теңлеслери ҳәм басқа адамлар тәрепинен сүйикли сезиўи керек. Олар жүдә кишкене ўақтында ямаса олардың өмириниң басқа қәлеген ўақтында балалар ушын дуўа етип баслаўға ҳәм пүткил өмири даўамында анық мүтәжлик ҳаққында дуўа етиўди даўам етиўге болады.
Бизлердиң ҳәммемизге өзлеримизди қабыл алынбағандай сезиўимизге туўра келген. Бизлердиң қайсы биримиз пәслетилиў, уялыўды бастан өткермедик, айып сезимнен қыйналмадық, өзин ҳеш нәрсеге жарамайтуғындай, ҳеш кимге керек емес әўметсиздей сезбедик? Бизлерден қайсы биримиз дөгеректеги адамлардың ҳүким етиўинен ямаса бизлердиң жүрис-турысымызды қолламағанынан қыйналмадық? Ҳәммемиз кимнен шықса да: шаңарақ ағзасынан, достыңнан ямаса улыўма бийтаныс адамнан қабыл алынбаўдың не екенин билемиз. Биреўлер буны айтарлықтай жеңил бастан өткереди, себеби жүрегиниң төринде өзин сүйикли ҳәм керекли сезеди. Басқасында болса оны қабыл алмаған сол көплеген жағдайлардан жүрегинде терең жаралар қалады ҳәм ол дөгеректегилерден өзине қәлеген мақулламаўшылық қатнасты ылайықсыз қабыл ете баслайды. Соның ушын дүньяда исленип атырған жаўызлықтың баслы себебин бир адамның басқа биреў тәрепинен қабыл алынбаўы деп есаплаўға болады. Усылай етип, жумыстан шыққан исши өзиниң алдыңғы жумыс орнына қайтады ҳәм өзиниң баслығы ҳәм алдыңғы кәсиплеслерин атады. Ямаса бас тартылған күйеў өзиниң ҳаялын урады ямаса өлтиреди. Биреў тәрепинен кемситилген ана өзиниң ашыўын баласынан алады. Егер адам өзин ҳеш кимге керек еместей сезсе, оның жүрегинде барлық жаман нәрсе ашылады, ал әтираптағылардың қабыл алыўы ҳәм сүйиспеншилиги, керисинше, онда ең жақсы нәрселерди оятады. Өзин тасланды сезетуғын адам әтираптағы барлық нәрсени өзине қарсы қойылған деп есаплайды: қәлеген көзқараста, айыпсыз сөзде, әҳмийетсиз қылмыста қәўипти сезеди, тап сол ўақыттың өзинде өзин сүйикли сезетуғын адам бундай жағдайда усыған уқсас ҳеш нәрсе көрмейди. Усындай адамға
Бирақ Қудайдың сүйиспеншилиги ҳәммесин өзгертиўге уқыплы. Қудай бизлерди сүйип ҳәм қабыл ететуғынына исеним бизлердиң өмиримизди улыўма өзгертеди. Қудай: «…Мен сени таңлап алдым ҳәм сеннен бас тартпайман…» (Ийшая 41:9), сондай-ақ: «…мәңгилик сүйиспеншилик пенен Мен сени сүйдим…» (Ерем 31:3), — деп айтты. Ол Өзиниң сүйиспеншилигин дәлилледи. Бул ҳаққында Мухаддес Китап: «Бирақ, бизлер еле гүнакар болған ўақтымызда Масих бизлер ушын өлди. Бизлерге деген сүйиспеншилигин Қудай усылай дәлилледи» (Рим 5:8), — деп айтады. Бирақ ең әжайыбы: «…өлим де, өмир де, периштелер де, ҳәкимшиликлер де, ҳәзирги ҳәм келешек заман да, күшлер де, бәлентлик те, тереңлик те, улыўма жаратылған ҳеш бир нәрсе Қудайдың бизлерге Ийемиз Масих Ийса арқалы берген сүйиспеншилигинен бизлерди айыра алмайды» (Рим 8:38-39).
Бизлер балаларымыздың усы ҳақыйқатларды түсиниўи ушын дуўа етиўимиз керек. Тек сол ўақытта ғана олар Қудайдың сүйиспеншилигин қабыл етеди, ҳәм басқа адамларды сүйиўди ҳәм түсиниўди үйренеди.
Ҳәр бир адамға ең алды менен дәл Қудайдың сүйиспеншилиги керек болғаны менен, бала биринши орында өмиринде ата-анасының сүйиспеншилигиниң барлығын (ямаса жоқлығын) қатты сезеди. Нәресте оны өмириниң дәслепки ўақытларында-ақ сезеди. Ата-ананың сүйиспеншилиги балаға ерте жастан Қудайдың сүйиспеншилигин билиўине мүмкиншилик береди. Сонлықтан балаларымыздың өмириниң дәслепки күнлеринен баслап бизлер: «Қудайым, баламды ҳақыйқаттан сүйиўге, Өзиң қәлегендей сүйиўге үйрет, ол түсине алатуғындай етип сүйиспеншиликти көрсетиўге үйрет», — деп дуўа етиўимиз керек. Егер балаңыз әлле қашан үлкен ҳәм қандай да себептен өзин керекли сезбейтуғын болса, кейинге қалдырмай, дуўа етиўди баслаң. Қудайдан оның жүрегин Өзиниң сүйиспеншилигине толтырыўын ҳәм оның жүрегин
Қудайдан өзиңиздиң балаңызға сүйиспеншилигиңизди көрсетиўди үйретиўин сораң ҳәм өтмиштеги әўметсизликлер ушын шайтанға жаныңызды айып сезими менен қыйнаўына жол қоймаң. Сизге оның тактикасы белгили болыўы керек: «Сениң балаң өзин керекли сезбейди, себеби сен жаман анасаң (жаман әкесең)», «Егер сен бундай ҳәлсиз болмағаныңда, сен балаңа өзиңниң сүйиспеншилигиңди көрсете алар едиң», «Сени ҳеш ким ҳеш қашан жақсы көрмеди, солай екен, сен биреўди қалай жақсы көре аласаң?». Усы барлық өтирик дозақтан келеди ҳәм шайтанның жобасының бир бөлеги болып табылады.
Егер сизди айып сезими ямаса өмирдиң қандай да бир тараўындағы әўметсизлик ҳаққында еске алыўлар қыйнаса, оны Қудайдың қолына тапсырың, ал кейин: «Қудай мениң баламды сүйеди. Мен баламды жақсы көремен. Басқа адамлар мениң баламды жақсы көреди. Егер балам өзин сүйикли сезбесе, демек, ол душпанның өтиригине исенген. Бизлер шайтанның өтириги менен келисип жасаўдан бас тартамыз», — деп беккем айтың. Сизден үлкен қайтпаслық ҳәм шыдамлылық талап етилсе де, кейин шегинбең, душпанның өтиригине көнбең, оны Қудайдың ҳақыйқаты менен қайтарың, ал кейин балаңыздың жүрегине Өзиниң сүйиспеншилигин төгиўи ҳәм балаңыз сизиң сүйиспеншилигиңизди қабыл ете алыўы ушын дуўа етиң.
Дуўа етиўден тысқары, балаға деген өзиңиздиң сүйиспеншилигиңизди нәзериңизде, қол тийгизиўиңизде (бул сыйпалаў, қушақлаў, сүйиў болса да), қылықларыңызда, ислериңизде ҳәм сөзлериңизде көрсетиўге ҳәрекет етиң. Мен балаларға әсте қол тийгизип ҳәм оның көзине туўры қарап: «Мен сени жақсы көремен. Сен зорсаң», — деп айтқанымда баламның ямаса қызымның жүзи, олардың жүрис-турысы
Егер сиз өзиңизде балаңызға деген сүйиспеншиликтиң жоқ екенин сезсеңиз, оны Мухаддес Руўхтан сораң. Мухаддес Китап: «…Өйткени Қудай бизлерге берген Мухаддес Руўхы арқалы жүреклеримизди Өз сүйиспеншилигине толтырды» (Рим 5:5), — деп айтады. Басқа көп нәрселерден тысқары, Қудай басқа адамларға төгилиўи ушын сизди Өзиниң сүйиспеншилигине толтырыўды қәлейди. Балаңыз ушын дуўа етип, сиз тек ғана Қудайдың сүйиспеншилигин қабыл етип қоймастан, ал оны көп мәрте көбейтесиз, солай екен ол жүрегиңиздиң шетинен төгиле баслайды.
Мен Сеннен өтинемен: баламды Өзиң оны сүйетуғындай сөзсиз сүйиўди, өзимниң оған деген сүйиспеншилигимди ол сезетуғындай етип көрсетиўди маған үйрет. Оны қалай сүйетуғыныңды билетуғындай етип оған Сениң сүйиспеншилигиңди қалай бериўим кереклигин көрсет. Мен шаңарағымның барлық ағзалары баламды жақсы көриўи ҳәм оны қандай болса сондай етип қабыл етиўин сорайман ҳәм балам (қызым) басқа адамлардың жигерлендириўин ҳәм қоллаўын тапсын. Ал, баламның өзиниң сүйикли екенине исеними артып атырғанда, онда басқа адамлар менен усы сүйиспеншиликти еркин
«Қудай бизлерге деген сүйиспеншилигин былай көрсетти: Қудай Өзиниң жалғыз Улын дүньяға жиберип, бизлерге Ол арқалы өмир берди. Мине, сүйиспеншилик — усы: бизлер Қудайды емес, ал Қудай бизлерди сүйип, Өз Улын бизлердиң гүналарымыздың кеширилиўи ушын қурбанлық қылып жиберди. Ҳәй, сүйикли туўысқанларым! Қудай бизлерди усылай сүйген болса, бизлер де бир-биримизди сүйиўге парызлымыз».
«Сизлер Қудай Ийеңиз ушын мухаддес халықсыз. Қудай Ийеңиз сизлерди Өзиниң халқы болыўыңыз ушын, жер жүзиндеги пүткил халықлар арасынан сизлерди таңлады».
«Бизлер Қудайдың бизлерге деген сүйиспеншилигин билемиз ҳәм оған исенемиз. Қудай — сүйиспеншилик. Ким де ким сүйиспеншилик пенен жасаса, ол Қудайда, Қудай да онда болады».
«Бирақ бизлер Ийемиз сүйген туўысқанларымыз болған сизлер ушын ҳәмме ўақыт Қудайға шүкирлик етиўге парызлымыз. Себеби Қудай Мухаддес Руўх тәрепинен мухаддес қылыныўыңыз арқалы ҳәм ҳақыйқатқа исениўиңиз арқалы қутқарылыўыңыз ушын, сизлерди әўел бастан таңлап алған еди».
«Ийемиз Ийса Масихтың Әкеси — Қудайға алғыс-мақтаўлар болсын! Ол бизлерди Масих арқалы аспандағы ҳәр түрли руўхый жарылқаў менен жарылқады. Қудай Өзиниң алдында мухаддес ҳәм минсиз болыўымыз ушын, Масих пенен қатнаста болған бизлерди дүнья жаратылмастан бурын таңлап алды. Қудай бизлерди сүйип, Ийса Масих арқалы Өзиниң балалары қылып асырап алыў ушын, алдын ала белгиледи. Бул Оның әжайып қәлеўи бойынша болды. Солай етип, сүйикли Улы арқалы бизлерге сыйға берген уллы мийрими себепли Өзине алғыс айтыўымыз ушын, Қудай усылай иследи».
5-бап
Ең алды менен бизлер балаларымыздың Ийсаны өзимниң Қутқарыўшым деп билиўин қәлеймиз. Себеби сол ўақытта бизлер оларға мәңгилик өмирдиң кепилленгенине, өлгеннен кейин олар менен аспанда ушырасатуғынымызға исенимли бола аламыз. Қандай әжайып үмит!
«Балаларымыз ушын өтинемиз» атлы дуўа етиў жыйналысларында қатнасқан Дебби Бун ҳәм оның күйеўи Габри Деббидиң альбомы ушын меннен ата-аналардың ең сырлы сезимлерин балаларға аша алатуғындай, қосық жазып бериўимди сорады. Мен усындай қосықтың текстин жаздым ҳәм оны «Ҳәммесинен алдын» деп атадым; күйеўим оған нама дөретти, ал Дебби оны жазып алды ҳәм енди оны өзиниң концертлеринде атқарып атыр. Мен усы қосықтың сөзлери ҳәр бир исениўши ата-ананың ойларын анық бере алатуғынын билемен.
Мине олар:
Балаларымыз бес жасқа толған ўақытта өмирине Ийсаны мирәт етиўге қарар етти. Бизлер оларға Қудай ҳаққында айтып беретуғын, оларға мухаддес китаплық ўақыяларды даўыслап оқып беретуғын, күнде олар менен бирге дуўа ететуғын ҳәм Қудайдың изинен жүриўге үйрететуғын, ибадатханаға оларды турақлы алып баратуғын едик. Кристофер ҳәм Аманданың жүреклери әлле қашан Ийсаны қабыл етиў ушын ашық еди, бирақ бизлер ҳеш ўақытта оларға бул пикирди жабыстырмадық ҳәм бунда турып алмадық. Буның орнына бизлер Қудайдың сөзи үйрететуғын нәрселердиң олардың жүрегине кирип ҳәм оларда Қудай менен қатнаста болыўға қәлеў келтириўи ушын дуўа еттик. Бизлер бул шешимди олар шеттен ҳеш қандай басымсыз өзлери қабыл етиўин қәледик. Ақыр-ақыбет, усы ўақыт келген ўақытта Кристофер ҳәм Аманда бизлерге Ийса ҳаққында сораўлар бере баслады ҳәм нәтийжеде бизлерден Ийсаны өзлериниң Қутқарыўшысы деп мойынлаўы ушын дуўа етиўимизди сорады. Бизлердиң ата-аналық жүреклеримиз баламыздың ҳәм қызымыздың келешеги қутқарылғанын билиўден қуўанышқа толды.
Балаларымыздың жасы нешеде екениниң әҳмийети жоқ, себеби олардың қутқарылыўы ушын дуўа етиўди баслаў ҳеш қашан ерте ямаса кеш болмайды. Ийса: «…Саған шынын, ҳақыйқатын айтаман: ким де ким қайтадан туўылмаса, Қудайдың Патшалығын көре алмайды…» (Юхан 3:3), — деп айтты. Сондай-ақ, Ол: «Мине, Мен қапы алдында қағып турман. Егер ким де ким Мениң даўысымды еситип қапыны ашса, оның үйине киремен. Мен оның менен, ол Мениң менен бирге аўқат жеймиз» (Аян 3:20), — деп айтты. Бизлер балаларымыздың Ийсаға жүрегиниң қапысын ашыўын ҳәм усы ҳәм кейинги өмирде Қудайдың Патшалығына кириўин қәлеймиз. Билиң: егер
Балалар Қудайға исенгеннен кейин, ата-аналар олардың Қудай менен ортасында сәйкес келетуғын қатнас орнаўы ушын дуўа етиўи керек. Неше мәрте бизлер кишкене ўақтында Қудай менен жүрген, ал кейин жас өспирим ямаса ер жеткеннен соң Оннан бас тартқан балалар ҳаққында еситкенбиз! Бизлер балаларымыздың: «…Қудайдың қәлеўин пүткил руўхый даналық ҳәм түсиник пенен толық билиўин» ҳәм «Ийемизге ылайықлы болып жасап, Оны ҳәр тәреплеме ырза қылып, ҳәр бир жақсы исте жемис берип ҳәм Қудайды билиўде өсип барыўын» (Кол. 1:9-10) қәлеймиз. Павел Колосалыдағы ҳәм Тимофейде Қудайдың балалары ушын усылай дуўа етти, ал бизлер де балаларымыз ушын дәл солай дуўа етиўимиз керек. Қудайдың өмири ҳәр биримиз ушын өзлеримиздиң бөлегимиз болыўы керек болған таза нәрсени бәрҳа таба алатуғын дерек болып табылады. Қудайдан Оның Мухаддес Руўхы балаларымызға түсиўи ҳаққында бәрҳа сораўымыз керек.
Оған жақсы жемис алып келиўине ҳәм Сениң еркиңди билип ҳәм ҳәмме нәрседе Саған унап, Сениң көз алдыңда таза болып жүриўи ушын бәрҳа Сени билиўде өсиўине жәрдем бер. Сен Өзиңниң Сөзиңде мениң әўладыма Өзиңниң руўхыңды төгетуғыныңды айттың (Ийшая 44:3-қа қараң). Мен Сеннен өтинемен: Өзиңниң Мухаддес Руўхыңды ҳәзирдиң өзинде балам (баланың аты) төк.
Қудайым, баламның мәңгилик келешеги ҳаққында меннен де көбирек ғам шегип атырғаның ушын Саған миннетдарман. Ийсаның атынан баламның Саған ҳеш қашан гүманланбаўын ҳәм Сениң таярлап қойған жолыңнан шықпаўын сорайман.
«Әкемниң ерки — Оның Улын көрип, Оған исенген ҳәр бир адамның мәңгилик өмирге ийе болыўы. Мен оны ақырғы күни тирилтемен».
«Бул ис жақсы болып, Қутқарыўшымыз Қудайға унайды. Себеби Ол ҳәмме адамлардың қутқарылыўын ҳәм ҳақыйқатлықты билиўин қәлейди».
«Және де, Қудайдың Улы келип, ҳақыйқый Қудайды билиўимиз ушын ақыл-ой бергенин де билемиз. Бизлер ҳақыйқый Қудайда, яғный Оның Улы Ийса Масихтамыз. Ол — ҳақыйқый Қудай ҳәм мәңгилик өмир».
«Сол гүўалық мынаў: Қудай бизлерге мәңгилик өмир берди ҳәм бул өмир Оның Улында».
«Мен Әкемнен сорайман ҳәм Ол сизлер менен мәңги бирге болыўы ушын басқа Жубатыўшыны жибереди. Ол — Ҳақыйқат Руўхы. Дүнья Оны қабыл ете алмайды. Өйткени Оны көрмейди де, танымайды да. Бирақ сизлер Оны билесизлер. Себеби Ол сизлер менен бирге жасайды, Ол ишиңизде болады».
6-бап
Өзиңе ҳүрметти
Мухаддес Китап: «Ҳәй балалар, Ийемизге тийисли болған сизлер, ата-анаңызға бойсыныңлар! Себеби усылай ислегениңиз дурыс болады. „Ата-анаңды ҳүрметле“, — бул ўәде менен бирге берилген баслы буйрық. Сол ўәде болса мынадай: „Сонда сен берекет табасаң ҳәм жердеги өмириң узақ болады“» (Ефес 6:1-3), — деп айтады. Егер балаларымыз Қудайдың усы буйрығын орынламаса, олар Қудайдың жарылқаўынан бос қалыўға, сондай-ақ, олардың өмири қысқа болыўына тәўекел етеди. Мухаддес Китап: «Ким ата-анасына жаман сөз айтса, оның шырасы қараңғылықта өшип қалады» (Нақ. мақ. 20:20), — деп ескертеди. Балаларымыздың өмирине тәсир етиў өзлеримиздиң бийлигимизде екенин түсинип, бизлер олар ушын дуўа етиўге ҳәм қатаң тәртипке үйретип, оларды дурыс тәрбиялаўға миннетлимиз. Бирақ бизлер және балаларымыздың жүрегине билдирмей жайласыўға ҳәм оларды ҳақыйқат жолынан алып кетиўге уқыплы болған қарсылық руўхын ажырата билиўимиз ҳәм оған қарсы турыўымыз керек.
Бойсынбаў — бул ҳәрекетке келтирилген менменлик. Бойсынбаўшылық руўхы: «Бул ҳаққында Қудайдың ҳәм басқа адамлардың не ойлайтуғынына қарамай мен қәлегенимди ислеўди қәлеймен», — деп айтады. Мухаддес Китап: «…бойсынбаўшылық сыйқыршылық сыяқлы гүна болып табылады» (1 Пат. 15:23), — деп үйретеди, соның ушын екеўиниң де нәтийжеси Қудайды толық қабыл етпеўшилик болып табылады. Сол аятта «қарсылық — бутқа табыныўшылықтың өзи» деп айтылады. Менменлик көтерилиске алып келеди, ал қарсылық адамға өзин Қудайдың алдында тәўбе етиўге ҳәм бойсындырыўға
«Гүнаны гүнаға қосыў ушын Менсиз жыйналыс қылатуғын улларға қайғы болады деп айтады Қудай…» (Ийшая 30:1). Бизлердиң дуўа етиўлеримиз менменлик ҳәм өзин ойлаў бутларын қулатыўға ҳәм баланың жүрегиндеги бойсынбаўшылық руўхты бойсындырыўға уқыплы.
Бойсынбаўдың антиподы — бойсыныў ямаса Қудайдың жолы менен жүриў. Бойсыныў адамға толық қәўипсизлик, дурыс жолда екенине ҳәм дурыс ислеп атырғанына исеним береди. Мухаддес Китап бойсыныўға сый ретинде жарылқаўды, ал кери жағдайда — қараңғылық ҳәм өлимди ўәде етеди. Бизлер өзлерине исенетуғын, өмири узақ болыў ушын өзлерин қәўипсиз сезиўи, жанында бәрҳа тынышлық ҳәм рәҳәт болыўы ушын балаларымыздың Қудайдың алдында бойсыныўшылықта жүриўин қәлеймиз. Ҳақыйқый бойсыныўға дәслепки қәдемлердиң бири — бул ата-анаға бойсыныўға ҳәм оларды ҳүрмет етиўге таярлық. Бирақ баланы буған үйретиў керек, ал оқытыў барысын болса егер дуўа етсек жеңил қылыўымыз мүмкин.
Баламыз он төрт жаста болған ўақытта ол өз ханасының дийўалларына өзиниң жақсы көретуғын сазенделериниң сүўрети бар афишаларды жабыстырды. Бирақ усы адамлардың айырымларының кийимлери ҳәм турыслары олардың шығармасының намалық мазмунына да бизлер, ата-аналар ушын ашық кеўлимизге тийетуғын еди ҳәм Қудайды улыўма алғысламайтуғын еди. Бизлер Кристоферден бул афишаларды дийўалдан алып таслаўын сорап ҳәм не ушын екенин түсиндирген ўақтымызда, ол алдын бизлердиң илтимасымызды орынлаўды қәлемеди, бирақ кейин анық көринетуғын шақырық пенен бойсынды. Бираз ўақыттан кейин ол басқа, бирақ алдыңғысынан онша жақсы емес афишаларды және қыстырды. Бул сапары бизлер қатаңырақ болдық ҳәм қаттырақ ҳәрекет еттик — бизлер өзлеримиз
Бул Кристофер ушын аўыр ўақытлар болды. Бизлер бойсынбаўшылық руўхының биринши көринислерине дус келгенимизди билдик ҳәм соның ушын Мухаддес Китаптың: «Шайтанның ҳийлелерине қарсы тура алыў ушын, Қудайдың барлық саўыт-қуралларын тағыныңлар» (Ефес 6:11), — деп буйырғанындай ҳәрекет етиўди шештик. Бизлер дуўа еттик ҳәм Қудайдың сөзине мүрәжат еттик, бизлер усы қарсылықты жеңиў ушын Қудайдың бизлерге күш бере алыўына исенимимизди жәрияладық. Бизлер руўхый гүрес алып бардық ҳәм Қудайдың жағдайды қалай өз қолына алып атырғанын гүзеттик. Баламыздың кейпияты өзгерди ҳәм келеси сапары ол бизлердиң ата-аналық талапларымызға жуўап беретуғын афишаларды қыстырды. Бул бизлердиң дуўа етиўимиздиң нәтийжесинде Қудайдың күшиниң туўры ҳәрекети болды.
Афишаға байланыслы жағдай бүгин ондай әҳмийетсиз көринеди, бирақ сол ўақытта бизлерге ата-ана ҳәм Қудайдың еркинен жоқары турыўға ҳәрекет еткен күшли қарсылық руўхы менен дус келиўимизге туўра келди. Ол өзиниң ҳуқықларында беккемлене алмастан бурын бизлер оған ылайықлы қарсылық көрсеттик. Бизлер усы гүресте Қудай ҳәм Оның Сөзи бизлердиң тәрепимизде екенин билгенимиз ҳәм гиреўге жүдә әҳмийетли нәрсе: баламыздың келешектеги мәңгилик өмири қойылғаны себепли жеңиўге миннетли едик.
Егер балаңыз әлле қашан жас өспирим ямаса ер жеткен адам болса ҳәм сиз оның өжет ҳәм қырсық болып атырғанын көрсеңиз, сиз, ата-ана сыпатында балаңызға талапшаңырақ болыўыңыз ҳәм өзиңизде болған күшли қурал — дуўа етиў ҳаққында умытпаўыңыз керек. Сиз өз балаңыз ямаса қызыңыз бенен урыспай атырғаныңызды есте тутың: «Өйткени урысымыз қан ҳәм еттен ибарат болған адам баласына қарсы емес, ал бул дүньядағы көзге көринбейтуғын ҳәкимлерге, бийлеўшилерге, бул қараңғы заманның күшлерине ҳәм аспандағы жаўыз руўхларға қарсы» (Ефес 6:12). Сиз душпан менен урысып атырсыз. Бахтымызға, Ийса бизлерге «…душпанның пүткил күш-қүдиретин жеңиўге…» (Лука 10:19) бийлик берди. Солай екен қорқпаң ҳәм гүманланбаң, ал усы бийликтен пайдаланың.
Бойсынбаўшылық руўхы балаңыздың минезинде қәлеген ўақытта көриниўи мүмкин, бирақ усының менен тәрбиялаўдың тәртип ҳәм үйретиў сыяқлы усыллары ҳаққында умытпай бизлер оны дуўа етиў ҳәм Қудайдың сөзи менен бойсындырыўға таяр боламыз. Балаңыздың көтерилиси сизди уялтпасын. Ийса Масих — ҳәмме нәрсениң Патшасы екенин есте тутың.
Сениң Сөзиңде: «Ҳәй балалар, ҳәмме нәрседе ата-аналарыңыздың сөзин тыңлаңлар. Себеби бул Ийемизге унайды» (Колос 3:20), — деп айтылған. Мен Сеннен өтинемен: баламның (қызымның) жүрегин ата-анасына қарат ҳәм оны өзиниң әкеси ҳәм анасын ҳүрмет етиўге, өмири узақ ҳәм жақсы болыўы ушын оларға бойсыныўға үйрет. Оның барлық ислери ҳәм қылықлары Саған унаўы ушын оның жүрегин Өзиңе қарат. Оны менменлик ҳәм бойсынбаўшылық руўхын айырып билиўге ҳәм оған қарсы турып, өкиниўди ҳәм оннан азат болыўды излеўге үйрет. Оны ҳәр түрли гүна менен келисимге келмейтуғын қыл. Оған Сениң алдыңда бойсынған руўхта жүриўдиң сулыўлығын көриўине жәрдем бер.
«Егер қәлеп ҳәм тыңласаңыз, онда жердиң жақсы өнимин жейтуғын боласыз. Егер де бас тартып ҳәм қайсарлық етсеңиз, онда қылыш сизди жалмап жутады, себеби Қудай усылай дейди».
«Биреўлер қараңғылықта, үмитсиз жағдайда, тутқында қыйналады темир буғаўда, себеби Қудайдың сөзине қарсы шығып, мәсләҳәтин менсинбеди Әдил Қудайдың. Сонда Ол халқын аўыр қыйыншылыққа салды, олар сүрнигип қулап, ҳеш ким қолламады».
«Әкениң үстинен күлетуғын, анаға бойсыныўдан бас тартатуғынның көзлерин ғарғалар шоқыйды, бүркиттиң балалары жейди».
«Улым, әкеңниң нәсиятларына қулақ сал, анаңның үгитлеринен бас тартпа. Себеби олар басыңа сулыў таж, мойныңа маржандай».
«Бирақ Сениң халқың бойсынбады ҳәм Саған қарсы көтерилди. Олар Сениң нызамыңнан жүз бурды. Оларды Саған тәўбеге келиўди ескерткен пайғамбарларыңды өлтирди ҳәм жүдә уятсызлық иследи. Солай етип, оларды душпанларыңа тәслим еттиң. Душпанлары оларды азаплады. Олар езиўшилик астында Саған дад салып, нала етти. Оларды аспанда турып тыңладың ҳәм Уллы мийрим шәпәәтиң арқалы оларға қутқарыўшыларды жибердиң. Олар халықты душпанларының қолынан қутқарды».
7-бап
Бир неше жыл алдын мен ҳәм мениң сиңлим қатты урысып қалдық. Ҳәммеси еки жыл даўам еткен бизлердиң қатнасымыздың үзилиўи менен тамам болды. Ал буның себеби улыўма өз-ара түсинбеўшилик болды. Өкпелер бизлерди жақын адамның жанын ҳәм онда не болып атырғанын түсиниў уқыплылығынан айырды. Бизлер бир шаңарақта тәрбия алған болсақ та, түрли дүньяда жасайтуғын едик. Буның ҳәммеси мени қатты қапа қылатуғын еди ҳәм мен бизлердиң жарасыўымыз ҳәм арамыздағы жақсы қатнас толық тикленемен дегенше дуўа етиўди тоқтатпадым. Мен бизлерде исениўши ҳәм дуўа етиўши ата-аналар болғанда бундай урыслардың болмаўына исенемен.
Жанларымыздың душпаны ҳәммесинен көбирек душпанлықты жағыў ҳәм урыс туқымын егиў ушын Қудайдың орнатқан қатнасларының ең орайына кириўди қәлейди. Ол өзиниң шаңарақты бузыў мақсетине қаншелли тез ериссе, оның ағзалары соншелли ҳәлсиз ҳәм нәзик болады ҳәм душпан олардың өмирин өзиниң басқарыўына тезирек алады. Буған қарсы жалғыз усыл — бизлердиң дуўа етиўлеримиз. Пүткил шаңарақ ушын ҳәм барлық туўысқанлар, күйеўлер, ҳаяллар, балаларды қосып дуўа етип, бизлер қарым-қатнасымызды бузыўда шайтанның мүмкиншиликлерин минимумға шекем азайтамыз.
Қызымыз туўылған ўақытта баламыз төрт жаста еди. Бастан-ақ мен Кристофер ҳәм Аманданың жақсы дос болыўы ушын дуўа еттим ҳәм буның ушын мүмкин болған ҳәмме нәрсени иследим. Ҳақыйқаттан, биринши жыллары олардың дослығы сырттағы адамлар айтатуғындай беккем еди. Бирақ Кристофер ер жеткенлик жасына келиўден ҳәммеси өзгерди. Оның таза дослары ҳәм жаңа қызығыўшылықлары пайда болды ҳәм кишкене сиңлисине ўақты улыўма қалмайтуғын еди. Амандаға ажағасының теңлеслериниң ер жеткенлик ҳәзиллери түсиниксиз еди. Өзин керек емес сезип, ол Кристоферден узақласты. Буның ҳәммеси мени қапа қылатуғын еди ҳәм маған судья ролин атқарыўыма туўра келди.
Бирақ әжайып күнлердиң биринде мен қәтемниң неден ибарат екенин түсиндим: усы ўақыялардан алдын Кристофер ҳәм Аманданың қатнасы әжайып екенин көрип, мен тынышланып ҳәм усы машқала ҳаққында дуўа етиўди тоқтатқан едим. Енди болса, өзимниң қәтемди түсинип, мен және ол ҳаққында дуўа етиўди басладым. Жағдай әсте өзгере баслады, қарсылық пәсейе баслады, олардың бир-бирине деген қатнасында жыллылық пайда болды. Мен, егер өзим ҳәрекет етпегенимде, сиңлим екеўимиз бенен жүз бергени сыяқлы улыўма ажырасыў менен тамам болатуғынына исенимге келдим. Балаларымның қатнасы бүгин үлгиден еле алыста болса да, олар бәрҳа жаңарады ҳәм беккемленеди. Ал, мен олар ҳаққында өмиримниң ақырына шекем дуўа етиўди даўам етемен.
Оларға ҳеш ким дуўа етпей атырғаны ушын қанша шаңарақ тәғдирдиң бойсыныўшылығына тасланған? Мен жүдә көп екенин билемен. Шаңарақ бузылғанын ҳәм бир үйде өскен туўысқан адамлардың арасында ҳеш қандай улыўмалық нәрсе жоқ екенин түсиниў жүдә ашынарлы. Усының өз балаларымыз бенен болып атырғанын көриў қандай қайғылы! Бирақ бундай болыўы керек емес.
Ийшая Пайғамбардың китабында Қудай кәраматлар дуўа ететуғын ҳәм ораза тутатуғынлардың өмиринде болатуғынын айтады: «…сен көплеген әўладлардың тийкарын тиклейсең…» (Ийшая 58:12). Қудай бизлердиң келешек әўладта руўхый бирлик сақланып қалыўы ушын Қудайдың ерки бойынша жаратылған шаңарақ ҳәм туўысқанлық байланыслардың «тиклеўшилери» болыўымызды қәлейди.
Сондай-ақ, Мухаддес Китап: «Өз ара аўызбиршиликли болыңлар менменликке берилмей, басқалар пәс көретуғын адамлар менен қатнас жасаңлар. Өзлериңизди басқалардан ақыллы санамаңлар» (Рим 12:16), — деп айтады. Бизлер бойсыныў ҳәм бирлик ҳаққында дуўа етиўимиз зәрүр.
Ийса: «Жарастырыўшылар бахытлы! Олар Қудайдың балалары деп аталады» (Матта 5:9), — деп айтты. Солай екен келиң жарастырыўшылар болайық: себеби бизлер усы дүньяда сондай азбыз; «…өзлеримизди тынышлық алып келетуғын ҳәм өз ара руўхый күш беретуғын ислерге бағышлайық» (Рим 14:19). Келиң кейин басқа туўысқанларға дуўа етиўди үйретиўимиз ушын өзлеримизге ҳәммесинен қәдирли болған — балаларымыз ушын дуўа етиўди баслайық.
Баламды туўысқанлар менен тартысларды Сениң Сөзиңде жазылғандай етип шешиўге үйрет. Егер олар бир-биринен узақласса, Қудайым, олардың қатнасындағы усы тесикти жамап ҳәм оларды шыпалаўыңды сорайман. Сеннен олардың қатнасығында қысым, түсинбеўшилик, тартыс, қарсылыққа орын болмай олардың байланысы беккем болыўын сорайман. Баламды кешириўге ҳәм келисим табыўға үйрет.
Сениң Сөзиң бизлерди «…ҳәммеңиз бир нийет пенен бирлесиңлер. Бир-бириңизди туўысқанларша сүйиңлер. Қайырқом ҳәм кишипейил болыңлар» (Петр 1-х. 3:8), — деп үйретеди. Оны адамлар менен қатнаста болыўға «…бирликти сақлаўға тырысыңлар» (Ефес 4:3) деп үйрет. Ийса Масихтың атынан мен Сеннен өтинемен: балам (қызым) барлық туўысқанларына сүйиспеншилик ҳәм аяўшылықты билсин ҳәм күшли арқанға уқсас түсиниўшилик ҳәм мийрим шаңарақтың барлық ағзаларын бирликте услап турсын.
«Жарастырыўшылар бахытлы! Олар Қудайдың балалары деп аталады».
«Туўысқанлардың бир-бирине талпынып турғаны, қандай жақсы!»
«Сабырлылық ҳәм жубаныштың тийкары болған Қудайдың Өзи сизлердиң Масих Ийсадан өрнек алып, аўызбиришилик пенен жасаўыңызға жәрдем етсин. Солай етип, сизлер Ийемиз Ийса Масихтың Әкеси болған Қудайды биргеликте ҳәм бир аўыздан алғыслайсызлар».
«Егер мүмкин болса, қолыңыздан келгенше, барлық адамлар менен татыўлықта жасаңлар».
«Туўысқанларым! Ийемиз Ийса Масихтың атының бийлиги менен ескертемен: ҳәммеңиз аўызбиришиликли болыңлар. Араңызда бөлиниў болмай, бир ой ҳәм бир мақсет пенен бирлесиңлер».
8-бап
Мен балаларымның дослары ушын бәрҳа дуўа ететуғын едим ҳәм көбинесе олардың дослары әжайып болатуғын еди. Бирақ айырым ўақытлары мен досласқанын ана сыпатында қуўатламайтуғын Кристофер ҳәм Аманданың дослары пайда болатуғын еди. Бул балалардың өзлери маған унамағаны себепли емес, маған олардың балаларыма тийгизетуғын тәсири унамайтуғын еди. Бирақ мениң жалғыз қуралым әдеттегидей дуўа етиў болды. Мен баламның усындай достының я өзгериўи, я оның өмиринен улыўма кетиўи ушын дуўа еттим. Қәлеген жағдайда мен дуўаларыма бәрҳа жуўап алатуғын едим. Сол балалардың өмири үлкен бир машқалаға айланған да, мениң қәўетерлеримниң тийкарлы екенин ўақыт бир неше рет тастыйықлаған еди.
Әдетте, ата-аналар баласының ким менен дос болыўына жүдә қызғанышлы қатнаста болады, олар қәўипти «иштен» сезеди. Бундай жағдайда Мухаддес Руўхтан жағдайды дурыс түсиниўге ҳәм усыған сәйкес дуўа етиўди үйретиўин сораўыңыз керек.
Өмиримиздиң ең қәўетерли дәўирлериниң бири шаңарағымыздың Калифорния штатынан Теннесиге көшип өткенинде болды. Бизлер баламыз мектепти питиретуғын, ал қызымыз жаңа жетинши классқа өткен ўақытта, яғный оқыў орнын өзгертиў ушын ең кеўилсиз дәўирде бул қәдемди иследик. Әлбетте, сол ўақытта мектепти өзгертиўди қатты қәлемедим, бирақ бизлер күйеўим менен көшиў кереклигин көрсеткен Қудайдың еркин анық түсинген едик. Балаларымыз ушын усы қәдемниң барлық аўырманлығын түсинип, мен бул ҳаққында көшпесимизден бир неше ай алдын дуўа еттим ҳәм кейин де дуўа етиўди даўам еттим: «Қудайым, балаларыма таза мектепте Өзиңе унамлы таза досларды табыўына жәрдем бер. Бизлерди усы жерге Сен алып келгениңди билемен ҳәм Сен мениң балаларымды таслап кетпейсең. Өзлериниң қарым-қатнасқа ҳәм теңлеслериниң арасында қабыл алыныўға талпынысында олар Сениң талапларыңа сәйкес келмейтуғын мораллық көринистеги досларды табыўын қәлемеймен. Олардың өмирине өзлери ушын үлги болатуғындай досларды алып кел».
Таза мектептеги биринши алты айда Кристофер ҳәм Аманда өзлерин жүдә жалғыз сезди, ал мен усы мүтәжлик ушын дуўа етип көп уйқысыз түнлерди өткердим. Мен өзимди улыўма ҳәлсиз сездим. Мен ерте балалықтағы сыяқлы олардың өмирине араласып ҳәм өзим олар ушын досларды таңлаўды баслай алмас едим ғо! Бирақ егер мен усының менен шуғылланғанымда да, мен дуўа еткениме Қудайдың жуўап ретинде ислегенлерин ҳеш ўақытта ислей алмас едим. Ақыр-ақыбет, Кристофер ҳәм Аманданың өмиринде ең әжайып болған дослары пайда болды. Бул сәйкеслик, ямаса әпиўайы «хэппи-энд» емес еди, — ол мениң өтиниш дуўа етиўлеримниң, көз жасларымның ҳәм Қудайға айтылған илтимасларымның жемиси еди: «Қудайым, балаларыма Өзиңе унамлы болатуғын ҳәм Кристофер ҳәм Аманда ушын үлги болатуғын досларды табыўына жәрдем бер».
Сол себепли Мухаддес Китап бизлерге: «Исенбейтуғынлар менен бирге бир мойынтырықтың астына кирмеңлер. Өйткени ҳақлық пенен нызамсызлықтың арасында қандай уқсаслық бар? Нур менен қараңғылықтың арасында қандай байланыс бар? Масих пенен шайтанның арасында қандай келисим ҳәм исенетуғын адам менен исенбейтуғын адамның арасында қандай шериклик болыўы мүмкин» (Кор. 2-х. 6:14-15). Бул сөзлерде исенбеўши дослар менен қатнасқа тыйым жоқ, бирақ бизлердиң жақын досларымыз тек исениўшилер болыўы мүмкинлигине көрсетпе бар. Мухаддес Китап: «Өз-ара келиспей екеўи бирге бара ма?» (Амос 3:3) — деп сорайды. Және: «Әлбетте, яқ, себеби „әдил адам басқаларға жол көрсетеди, әделетсиз болса жолдан адастырады“» (Нақ. мақ. 12:26), — деп жуўап береди.
Егер балаңыздың жақын исениўши дослары болмаса, усы мүтәжлик ушын ҳәзирдиң өзинде дуўа етиўди баслаң! Қудайдан олардың исенбеўши досларының Қудайға исениўин ҳәм таза исениўши дослары олардың өмирине келиўин сораң. Көбинесе ата-аналар нени болса да өзгертиўге ҳәм балаларын айырым адамлардың зыянлы тәсиринен қорғаўға өзлерин ҳәлсиз сезеди.
Балаларымыздың өмирине үлкен тәсирди еликлетиў ушын сол ямаса басқа өрнекти дослары көрсетеди. Солай екен, бизлер балаларымыз ушын
Сениң Сөзиңде: «Дана менен жүрген дана болады, ахмаққа жолдас болған болса набыт болады» (Нақ. мақ. 13:20), — деп айтылған. Қудайым, баламның ахмақ пенен қатнаста болыўына жол қойма ҳәм оны набыт ететуғындай тәсир етиўши ақылсыз дослардан қорға. Усындай «достың» жолында жүрмеўи ушын баламның жаны ҳеш қашан бул қақпанға түспеўи ушын оны Өзиңнен ҳеш нәрсеси жоқтан алып өт.
Егер дослары таслап кеткен болса, оны жубат ҳәм Өзиңдей, яғный, Сен жаратқандай болып ең қупыя сырлары менен бөлисе алатуғындай таза дослар бер. Оны өзиниң өмири менен Сени алғысламайтуғынлар менен қатнасқа ийтеретуғын жалғызлық ҳәм өзин пәс баҳалаўдан азат ет.
Мен Сеннен Ийса Масихтың атынан өтинемен: оған ҳақыйқый дослықтың мәнисин аш, оны басқа адам ушын өмириниң ақырына шекем ҳақыйқый, садық дос болыўға үйрет. Балам бәрҳа Сениң атыңды алғыслайтуғын дослық қатнасларды орнататуғын болсын.
«Әдалатсыздың жолларына аяқ баспа, жаўызлар жолынан жүрме».
«Бирақ, өзин исениўши туўысқаныңызбан деп атап турып, бузық, нәпсиқаў, бутпараз, жалахор, мәскүнем ямаса тонаўшы болған адам менен қатнас жасамаўыңызды, ҳәтте, сондай адам менен бирге аўқат та жемеўиңизди жазған едим».
«Улым, Жаратқан Ийеге ҳәм патшаға хурмет корсет, Топалаңшыларға ҳеш қашан бирлеспе. Өйткени олар күтилмегенде апат алып келер, Ким биледи, апат жиберетуғынын Жаратқан Ийе ме, маса патша ма?»
«Ашыўшақ адам менен дос болма, Сабырсыз адам менен жолдас болма. Болмаса, өзиң соларға еликлеп, Түсип қаларсаң дузаққа».
«Қудайсызлар кеңесине бармайтуғын, гүнакарлар жолы менен жүрмейтуғын, мазақ қылыўшылар менен бирге отырмайтуғын…»
9-бап
Газеталарда жас адамлардың қандай урлық ислеўи, тонаўы, өлтириўи, олардың жынысый байланысларда парықсызлығын, түсинбейтуғыны ҳаққында оқып, олардың я Қудайдың алдында қорқынышы, я Оның жолларын дурыс түсинбеўин, я Қудайды пүткил жүреги менен излеўди қәлемеўин көрмеў мүмкин емес. Олардың айырымлары масихый шаңарақлардан шыққан ҳәм Масихты өзиниң Қутқарыўшысы деп билген, бирақ Қудайдың қорқынышында тәрбияланбағанына ҳәм Оның барлығын излеўге үйретилмегени себепли олар өз денесиниң қәлеўлерине толық берилди.
Қудайдың алдында қорқыныш бизлердиң пүткил жүрегимиз бенен Қудайды сүйип ҳәм ҳүрмет етиўимиз кереклигин, Қудайдың алдында бийлик ҳәм уллылық пенен күшти сезиўди нәзерде тутады. Қудайдан қорқыўдың тийкарында адамның өмириниң Қудайсыз ҳеш нәрсеге турмайтуғынын түсиниў ҳәм бизлерге қапашылық ҳеш ўақытта келмейтуғынын ўәде ететуғын Оның сүйиспеншилигине миннетдаршылық жатыр. Қудайдан қорқыў өзинде жанның ашлығын, яғный, Қудайға қол тийгизиўге, Оған жақын болыўға талпынысты нәзерде тутады.
Әтирапымызда балаларымызды Қудайдан басқа жаққа буратуғын сондай көп нәрселер бар. Шайтан ҳәр бир балаға жақынлап, оны азғырады ҳәм не ислейтуғынын — бала оның қарамағына «түсиўин» гүзетеди. Бирақ балаларымызды Қудайдың жолларына үйреткенимизде бизлер тәрбиялап, тәртиплестиремиз.
…оларға Мухаддес Жазыўды оқыған ўақтымызда,
…оларды дуўа етиўге, ҳақыйқат Қудайда екенине ҳәм Ол ўәде еткенин орынлайтуғынына исениўге үйреткен, ўақтымызда
…оларға исениўши досларды таңлаўға жәрдем берген ўақытымызда,
…оларға Қудай менен жүриў шаршатпай ҳәм азатлықты шеклемей, қуўаныш ҳәм сезимниң толықлығын беретуғынын көрсеткен ўақтымызда,
…олар менен бирге олардың барлық мүтәжликлери ушын дуўа еткенимизде,
олардың жүрегинде руўхый ашлық оянады ҳәм Қудайды билиўди қәлеў пайда болады.
Балалар Қудай ҳәм Оның менен байланыслы ҳәмме нәрсе өмирде үлкен артықмашылық болып табылатуғынын түсингенинде, олар денениң емес, ал Қудайдың басшылығы астында жасаўды баслайды; олар Оның жолларын, Оның Сөзин ҳәм Оның барлығын излеўди баслайды; олар Оның аты алдында қорқынышқа ийе болады ҳәм олардың өмири узақ ҳәм әўметли болады. Себеби «Ийемизден қорқыў өмирге өмир қосады, әдалатсыздың өмири болса қысқарады» (Нақ. мақ. 10:27), — деп айтылған.
Калифорниядан Теннессиге көшкен ўақытта бизлер күйеўим менен бирге биринши орында Қудайдан жақсы жаслар топары бар ибадатхананы көрсетиўин сорадық. Бизлер дуўаларымызға жуўап алдық, нәтийжеде балаларымыз таза ибадатхананың жаслар топарына аңсат араласты, сол жерде садық дослар таба алды ҳәм Қудайда исенимде өсиўди даўам етти. Қудайдың сөзин белсенди үйрететуғын, Оның барлығын сезетуғын ҳәм Қудайдың басқа балалары менен Оның қуўанышын бөлисиўге мүмкиншилиги бар ибадатхананы табыў қандай әҳмийетли! Бул қатнастың балалардың Қудайды ҳәм Оның менен байланыслы ҳәмме нәрсени излеўге қәлеўин күшейтиўи себепли де жүдә әҳмийетли.
Балаңызда Қудайдың алдында қорқыныш, Оған ҳәм Оның Сөзине исеним жасаўы ушын ол пүткил жүреги менен Оның жүзин излеўге үйрениўи ушын келешекке қалдырмай ҳәзирдиң өзинде дуўа етиўди баслаң. Буннан балаңыздың тәғдири — балаңыз (қызыңыз) өзиниң денеси менен бәрҳа гүресте бола ма ямаса Мухаддес Руўхқа толып ҳәм Қудайдың жарылқаўына ийе болып жасай ма екенине байланыслы. «Оннан қорқатуғынларда кемтарлық жоқ» (Забур 33:10-қа қараң) болатуғынын есте тутың. Бул ушын дуўа етиўди баслаў ҳеш ўақытта ерте емес, соның ушын кейинге қалдырмаң ҳәм басқа ўақытты күтпең.
Балам Сениң ўәсиятларыңды орынлаўдан ҳеш қашан бас тартпаўы ҳәм Саған жеркенишли барлық әдалатсыз жоллардан бас тартыўы ушын соранаман. Саған ҳәм Сениң жолларыңа деген ҳүрмети ҳәм сүйиспеншилиги оның өмирин, ислерин ҳәм өмирде ислеўине туўра келетуғын ҳәр бир қәдемин нурландырсын. Оны өзиниң қылмысларының ақыбетлерине жуўапкершиликти алыўға ҳәм дене бойынша өмир бир ғана жемис — өлимди алып келетуғынын билиўге үйрет. Ол ҳеш қашан өзиниң көз алдында дана болмасын, бирақ: «…Қудайдан қорқ, жаўызлықтан жүзиңди бур» (Нақ. мақ. 3:7), — деген ўәсиятты есте тутсын.
Мен оның бәрҳа исенимли, жуўапкершиликли, мийримли, ашық, сүйиспеншиликли ҳәм сақый адам болыўын сорайман. Оны түрли менменлик, ериншеклик, бийпәрўалылық, өзин ойлаўшылық ҳәм дене қумарлықларынан азат ет; оған Өзиңнен болған ҳәмме нәрсеге бәрҳа «аўа» деп айтатуғын ҳәм денеден болған ҳәмме нәрсеге «яқ» деп айтатуғын бойсынған руўх бер. Оған өзиниң көз қарасларында беккем турыўға күш бер.
Мен баламның Сениң Сөзиңниң ҳақыйқаты, табыныўда, дуўа етиўде ҳәм үйренўде, Мухаддес Руўхтың күши менен руўхланып жасайтуғын масихый ибадатхананың белсенди ағзасы болыўды бәрҳа қәлеўин сорайман. Ол Сениң Сөзиңди үйренип атырған ўақытта өмирде Сениң ўәсиятларыңның ҳақыйқый екенин түсинип жүриўи ушын Өзиңниң нызамыңды оның санасына ҳәм жүрегине жаз. Ол дуўа етиўди үйренип атырғанда, сондай-ақ, Сениң еркиңди түсиниўди де үйренсин. Оның Сениң менен қатнасы шын жүректен, қызғын, терең болсын. Оның жүрегинде Мухаддес Руўхтың оты ҳәм Саған, Сеннен болған ҳәмме нәрсеге таўсылмайтуғын талпыныс бәрҳа жанып турсын.
«Ҳақлыққа мүтәж болғанлар бахытлы! Қудай оларды толық қанаатландырады».
«Ийемизден қорқыў — өмир булағы, ол өлимнен қорқады».
«Қудай алдында жасаў ушын, Мухаддес Нызам арқалы мен Мухаддес Нызам алдында өлгенмен. Мен Масих пенен бирге атанақ ағашқа шегеленгенмен. Енди жасап атырған мен емес, ал менде Масих жасап атыр. Ҳәзир денеде жасап атырған өмиримде, мени сүйген ҳәм мен ушын Өзин қурбан еткен Қудайдың Улына деген исенимим менен жасап атырман».
«Ийемиздиң жобаларын орынлап, шын жүректен Оған бет бурғанлар бахытлы».
«Ийем, мени ҳақ жолыңа бағытла. Сениң ҳақыйқатыңа сай жүргим келеди, жүрегимди тек Сени қәдирлеў ушын беккемле. Қудай Ийем, Өзиңди шын жүректен мақтайман, Сениң атыңды мәңги алғыслайман».
10-бап
Мен механик болып ислеў ушын үлкен компанияда көп төленетуғын инженерлик жумысын қалдырған бир адамды билемен. Ол буны дүньяда ҳәммесинен көбирек автомобиль оңлаўды жақсы көргени себепли иследи. Ол тек қаладағы жақсы механик болып қоймады; ең баслысы — ол өзиниң мүмкиншилигин раўажландырды. Мен әўметли бизнесмен болыўды жобаластырғанлықтан пастор болыўға Қудайдың шақырығына бойсынбаған басқа адамды билемен. Нәтийжеде ол ажырасыўдың ақыбетинен шаңарағын жоғалтты, кишкене баласының өлимин бастан өткерди ҳәм оның пүткил өмири таўсылмайтуғын жоғалтыў ҳәм кеўил қалыў дизимине айланды. Оның дуўа етиўши анасы ямаса әкеси болғанында ямаса оған өмирде ол ушын Қудайдың белгилегенин түсиниўге жәрдем беретуғын басқа бир адам болғанында ҳәммеси басқаша болған болар еди.
Қудайдың бизлерди қандай етип ойлағаны ҳаққында түсиникке ийе болмай, бизлер ҳақыйқатында болмағандай болыўға ҳәрекет етемиз ямаса және биреў болыўға талпынамыз, бирақ буның ҳәммеси көбинесе кеўил қалыў, пәслетилиў ҳәм өзиниң толықсызлығын сезиў менен тамамланады. Буған тастыйықлаўды бизлер өзиниң жумысын, олардың күткенин ақламайтуғын өмирин жек көриўши ересек адамлардың өмиринен табамыз. Бундай адамның келеси: «Ҳеш нәрсеге жарамайман. Бул мен ушын емес. Мен басқа нәрсе менен шуғылланыўым керек», — деген өтирикке қандай да ўақыт исенетуғынына гүманланбасақ та болады. Бәлким, усындай адамларға ҳеш ким, ҳеш қашан олардың Қудайдан берилген күш ҳәм талантына ийе екенин түсиндирмеген шығар. Олардың өзлериниң бағышланыўын ҳәзирге шекем билмеўи анық.
Өмирдиң мәниси бизлерге Қудайдың басқарыўын сорап, ал кейин Оның буйрықларын орынлаған ўақтымызда ашылады. Еремия пайғамбар Израиль халқын жаўызлықтан жүз бурыўға шақырды, бирақ адамлар оны тыңлаўдан бас тартты. Ақыр-ақыбет, Қудай: «Мен Яҳудеяға ҳәм Ерусалимниң барлық турғынларына олардан алған барлық жаўызлықты келтиремен, себеби Мен оларға айттым, ал олар тыңламады, оларды шақырдым, ал олар жуўап бермеди» (Ерем 35:17), — деп айтты. Егер бизлер Қудайдың даўысын еситпесек, бизлерге бахытсызлықлар келеди. Бирақ бизлер дуўа ете аламыз ҳәм балаларымыздың Қудайдың даўысын еситиўин сорай аламыз ҳәм сонда қайғы оларды шетлеп өтеди.
Шайтанның жақсы көретуғын жас адамларға қарсы қолланатуғын бир усылы бар: өзиниң толықсызлығын көриў ушын, Қудай жаратпаған басқа биреў болыўды қәлеў ушын оларды өзлерин басқалар менен салыстырыўға оятады. Өзлерин дослары менен салыстырып, жас қызлар олардың шашлары сулыўырақ екенин ҳәм олардың кейинги модада кийингенин ҳәм қымбатырақ үйлерде жасайтуғынын, мектепте жас адамларда үлкен әўметке ийе екенин ҳәм жақсы оқыйтуғынын көреди. Өзиниң теңлеслерине қарап жас өспиримлер олардың өзинен жоқарырақ, физикалық жақтан күшлирек, сыртқы пишини сулыўырақ, екенин, олардың көп дослары барлығын, олардағы нәрселер қымбатырақ ҳәм сулыўырақ ҳәм олар улыўма уқыплы ҳәм талантлы екенин табады. Усындай өзин басқалар менен бәрҳа салыстырыў ҳәм салыстырыўдың нәтийжесиндеги өсип атырған өзин пәс баҳалаў баланың санасына үлкен зыян келтиреди. Мен еле жас өспиримлик жасына жетпеген, өзин жек көретуғын ҳәм басқа биреўге уқсаўды әрман ететуғын көплеген балаларды билемен. Өзин Қудайдың жаратылысы сыпатында баҳалаўдың ҳәм Қудайдың берген қәбилетин максимал раўажландырыўдың орнына, олар бар күши менен басқаша болыўға ҳәрекет етеди, яғный, өзлерине ҳеш қашан қанаатланыў алып келмейтуғын нәрсени ислейди. Бирақ бизлердиң дуўа етиўлеримиз душпанның усы жобаларын бузыўға ҳәм балаларымызға өзин ҳәм келешегин ҳақыйқый нурда көриўге жәрдем бериўге уқыплы.
Балаларым еле жүдә кишкене ўақытында, мен Қудайдан күйеўимиз екеўимизге олардың сыйларын ҳәм талантларын ашыўын сорай басладым. Мен Қудайдан балаларымды оқытыў ҳәм тәрбиялаўға даналық ҳәм олардың қәбилетлерин Қудайдан белгиленгенди орынлаўға жәрдем бериў ушын раўажландырыўын сорадым. Мен Кристофер ҳәм Амандаға өзлериниң жетискенликлерин баҳалаўға ҳәм кемшиликлеринде тоқтамаўға жәрдем бериўде өзимниң шақырылыўымды көрдим. Балаларым ер жеткенлик жасына өткенде бул тапсырма көринерли аўырласқанлықтан, ол мениң дуўа етиўим ушын турақлы тақырып болды.
Бирақ мен ушын ең әҳмийетлиси балама ҳәм қызыма Қудай менен қарым-қатнасын жақынырақ орнатыўға жәрдем бериў еди, өйткени тек усы жағдайда олар Қудайдың нийетин түсиниўи мүмкин еди. Мен, егер олар баста Қудайдың Ким екенин билмесе, өзин-өзи дурыс түсине алмайтуғынын билетуғын едим.
Мухаддес Китапта Қудай балаларымызға Мухаддес Руўхты төгиўге ўәде береди ҳәм: «Суўлардың ағысындағы тал сыяқлы шөплердиң арасында өседи. Биреў: „мен Қудайдыкимен“ деп айтады… ал басқасы қолы менен: „мен Қудайдыкимен“ деп жазады…» (Ийшая 44:4-5), — деп айтады. Қудайға исенетуғын адамлар өзлериниң ким екенин биледи. Олар Оның Мухаддес Руўхына толы болады ҳәм Қудайға тийисли екенин билетуғын болады. Сиз: «Мен Қудайға тийислимен», — деген сөзлерди исенимли айтатуғын қәлеген баланың жүзинде қуўанышты көресиз. Балаңызды бахытлы көриўди қәлейсиз бе? Онда дуўа етиўди баслаң.
«Бирақ сизлер Қудай тәрепинен таңланған адамлар, Патшаның руўханийлери, мухаддес миллет ҳәм Қудайға тийисли халықсыз. Сизлер өзлериңизди қараңғылықтан Өзиниң әжайып нурына шақырған Қудайдың таң қаларлық ислерин жәриялаў ушын таңландыңлар».
«Мухаддес Жазыўда айтылғандай: «Көз көрип, қулақ еситпеген, Адамның ойына кирип те шықпаған нәрселерди, Қудай Өзин сүйетуғынлар ушын таярлап қойыпты».
«Сонлықтан, ҳәй туўысқанларым, Қудайдың сизлерди шақырғаны ҳәм таңлап алғаны ҳақыйқат екенин көрсетиў ушын, еле де күш-ғайрат салыңлар. Усылай ислесеңиз, ҳеш қашан сүрникпейсиз».
«Қудай Өзин сүйетуғынларға, яғный Оның қәлеўи бойынша таңланғанларға ҳәмме нәрсени жақсылық қылып хызмет ететуғынын билемиз. Өйткени Қудай Өзи бурыннан таңлаған адамларының Улына уқсаўы ушын, оларды алдын ала белгиледи. Солай етип, Қудай Өз Улының көп туўысқанлар арасында туңғыш болыўы ушын усылай иследи. Қудай Өзи алдын ала белгилеген адамларын шақырды, шақырған адамларын ақлады, ал ақлаған адамларын уллылыққа еристирди».
«Тур, жарқыра, себеби Нурың келди, Жаратқан Ийениң нуры үстиңе түсти».
11-бап
Бизлердиң шаңарағымызда балаларымыз жақсы билетуғын қағыйда бар: егер айырым қылмысларға жаза жүдә қатаң болмаса да, бирақ өтирик ушын жаза бәрҳа қатаң ҳәм оннан қаша алмайсаң. Бизлер өтирикти қылмыслардың жаманы деп есаплаймыз, себеби барлық гүналардың тамыры сонда. Қәлеген жынаят кимниң болса да өтирикке исенгенинен ямаса өзи алданғанынан басланады. Өтириктиң ең ҳийлесиз ақлаўы (мысалы, «Егер мен өтирик айтпасам, қәлегенимди алмайман») басқа жаўызлыққа жол ашады.
Қызымыз еле кишкене болған ўақтында өзиниң мақсетине ерисиў ушын «кишкене ҳийлелерди» қолланыўға ҳәрекет ететуғын еди. Бирақ, ол тез арада буны ислеў керек емеслигин, себеби усы ҳийлениң жазасы олардың артықмашылықларынан жоқары екенин түсинетуғын еди. Ал, баламыз бул бойынша «майдаланбады», егер ол өтирик сөйлесе, көлемирек етип алдайтуғын еди.
Кристофер жети жасар ўақтында, бир күни ол өзиниң жорасы Стивен менен оның үйиниң қарсы алдында бейсбол ойнап атыр еди. Топ үлкен айнасына келип түсти, гүрсилди еситилди ҳәм Стивенниң анасы үйинен жуўырып шықты. «Буны ким иследи?», — деп сорады ол. «Мен емес», — деп жуўап берди Стивен. «Мен емес», — деп айтты Кристофер. «Стивен, сен топты айнаға тийгизбедим деп тастыйықлап атырсаң ба?» — деп даўам етти ол. «Аўа, буны мен ислемегенимди тастыйықлайман», — деп айтты баласы. «Кристофер, топ пенен айнаны сен сындырдың ба?» — деп ол мениң балама мүрәжат етти. «Егер сиз буны мен ислегенимди көрген болсаңыз, онда бул солай, егер яқ болса, демек, буны мен ислемедим», — деп Кристофер жай-парахат жуўап берди. «Мен буны көрмедим», — деп айтты Стивенниң анасы. «Демек, мен айыплы емеспен», — деген жуўап болды.
Ол бизлерге қоңыраў қылып ҳәм болған ўақыяны айтып бергенинде, бизлер баламыз өтирик айтсам ҳеш ким билмейди деп шешпестен алдын араласыўымыз кереклигин түсиндик.
«„Кристофер, ҳәммеси қалай болғанын көрген биреў бар. Бәлким, сен өзиң ҳәммесин айтып берерсең?“, — деп мен балам мойынлап ҳәм өкиниўин қәлеп айттым. Ол басын төменге түсирди ҳәм: „Яқшы, мен сындырдым“, — деп айтты. Буннан кейин бизлер өтирик ҳаққында Қудайдың сөзи не айтатуғынын узақ сөйлестик. „Шайтан — баслы өтирикши ҳәм барлық жаўызлық өтириктен басланады. Адамлар өтирик өмиримизди жеңиллетеди деп ойлайды, бирақ ҳақыйқатында керисинше болады. Ал бул өтирикти айтып, сен шайтан менен байланысқа түсетуғының себепли болады. Ҳәр сапары сен өтирик сөйлегениңде, сен оған жүрегиңде азғана орын бересең. Сен қаншелли көп алдасаң, шайтанның өтирик руўхы сениң жүрегиңди соншелли тез басып алады ҳәм бир күни сен усы өтирик ағысын тоқтата алмайтуғыныңды көресең. Мухаддес Китап: „Өтирик пенен байлық табатуғынлар суў сыяқлы шығып кететуғын, өзиниң өлимин излейди“ (Нақ. мақ. 21:6). Басқа сөз бенен, сен өтириктиң жәрдеми менен бир нәрсеге ийе боламан деп ойлайсаң, бирақ ҳақыйқатында сен тек өз өмириңди бузасаң. Ҳақыйқатты айтқан жақсы. Өзиңниң өтиригиңе алған жазаң нәтийжеде сениң өтиригиңниң нәтийжесине қарағанда, сен ушын үлкен жарылқаўға айланады. Себеби Мухаддес Китап бизлерге: „Өтирик гүўалық жазасыз қалмайды, өтирик сөйлеўши болса қашып қутыла алмайды“ (Нақ. мақ. 19:5).
Бир неше ўақыт өткеннен кейин Кристофер меннен сол күни өзин ким көргенин сорады. «Қудай, Ол сени көрди. Мен Оннан сен ҳәм сиңлиң ҳаққында барлық ҳақыйқатты өзиме ашыўын бәрҳа сорайман. Ол — Ҳақыйқат Руўхы, түсинесең бе?» — деп мен жуўап бердим. «Бирақ бул әдалатсызлық», — деп айтты Кристофер. Бирақ, соннан берли ол өтиригин бәрҳа мойынлайтуғын болды. «Мен бул ҳаққында саған Қудай ашпастан алдын өзим айтқаным жақсы деп ойладым», — деп ол ҳәр сапары айтатуғын болды.
Балалардың улыўма алдамаўы мүмкин емес. Мәселе олардың өтирик айтатуғынында ямаса айтпайтуғынында емес, ал өтирик олардың әдети ҳәм өмир дәрежеси болыўында. Ал, истиң барысы бизлердиң буған қатнасымызға байланыслы. Егер бизлер балаға Қудайдың өтирик ҳаққында не айтатуғынын түсиндирмесек, олар буның қаншелли жаман екенин билмейтуғын болады; егер бизлер олардың өтиригине көзимизди жумсақ, олар өтирик айтыўға болады деп шешеди. Егер бизлер усы машқала ушын ҳәзир дуўа етпесек, ўақыттың өтиўи менен бизлер жүдә ашшы жемисти аламыз.
Мухаддес Китап шайтан ҳаққында мынаны айтады: «Сизлер өз әкеңиз шайтаннансыз, сизлер оның тилеклерин орынлаўды қәлейсизлер. Ол бастан-ақ адам өлтириўши еди. Ол ҳақыйқат тәрепинде турмаған, өйткени онда ҳақыйқатлық жоқ. Ол өтирик сөйлеген ўақытта, өз тәбиятына тән сөйлейди. Себеби ол өтирикши ҳәм өтириктиң әкеси» (Юхан 8:44). Өтириктиң әкеси ким екенин билип, бизлер балаларымыздың жүрегинде оның туқымы қалай өсип атырғанына тыныш қарап тура алмаймыз.
Өтириктиң барлық руўхы баланың, сондай-ақ жеке өзлеримиздиң жүрегимизден жоқ қылыныўы ушын дуўа етиң. Айырым ўақытла ры ата-аналар өтирикке жазаны жеңиллетеди, себеби өзлери де сондай гүна ислейди. Бизлер балаларымызға үлги болыўымыз ушын өтириктен бас тартыўымыз ҳәм ҳақыйқат жолына ериўимиз керек. Бизлер елши Юхан менен бирге: «Сениң балаларыңның арасындағы гейбиреўлериниң Әкемизден алған буйрық бойынша ҳақыйқат жолы менен жүргенин билип, қатты қуўандым» (Юхан. 2-х. 1:4), — деп айтыўды қәлеймиз. Бизлер балаларымыздың өтириктиң әкеси менен байланысқа түсиўин қәлемеймиз: бизлер балаларымыздың нурдың Әкеси менен бирге болыўын қәлеймиз (Яқып 1:17-қа қараң).
Мен Сеннен балам (қызым) барлық сырлы нәрсе ерте ме, кеш пе ашылатуғынын билип, ҳеш қашан, ҳеш нәрсени жасырмаўын соранаман. Бундай болмаған жағдайда ол өтирик өзине зыян келтирмеўи ушын оны тәўбеге алып келетуғын қайғы ҳәм аўырықты көрсин. Мени балама өтириктиң негизин таўып түсиндириўге ҳәм усы билгенлерин өмиринде қолланыўға оған жәрдем бериўге үйрет. Сениң Сөзиңде: «Бирақ Ол, яғный Ҳақыйқат Руўхы келгенде, сизлерди толық ҳақыйқатқа қарай жетелейди…» (Юхан 16:13), — деп айтылған. Сениң ҳақыйқат Руўхың баламды (қызымды) барлық ҳақыйқатқа үйретсин, ол ҳеш ўақытта өтирикши болмасын, ал ҳақыйқат Руўхына ериўши иштен мақсетли адам болсын.
«Өтирикши тил Ийемизге жеркенишли, ҳақыйқат пенен жумыс ислейтуғынлар болса Оған унайды»
«қайғыдан жаным үзилип кетежақ. Сөзиң бойынша маған күш-қуўат бер».
«Мәңгилик сүйиспеншиликти улыўма таслама. Мойныңа маржан қылып тағып ал, жүрегиңниң төрине жазып қой. Қудай ҳәм адамлардан мийрим, қоллаўды тап».
«Сол адам шайтанның күши менен келип, ҳәр түрли қүдирет, жалған белгилер менен таң қаларлық нәрселерди ҳәм набыт болатуғынларды алдаўшы ҳәр түрли жаманлықларды көрсетеди. Өйткени олар өзлериниң қутқарылыўы ушын ҳақыйқатлықты сүйиўден бас тартқанлықтан, набыт болады».
«Егер Мени сүйсеңлер, Мениң буйрықларымды орынлайсызлар. Мен Әкемнен сорайман ҳәм Ол сизлер менен мәңги бирге болыўы ушын басқа Жубатыўшыны жибереди. Ол — Ҳақыйқат Руўхы. Дүнья Оны қабыл ете алмайды. Өйткени Оны көрмейди де, танымайды да. Бирақ сизлер Оны билесизлер. Себеби Ол сизлер менен бирге жасайды, Ол ишиңизде болады».
12-бап
Қызым төрт жасар ўақытында шыпакерлер онда аўыр көз кеселлигин тапты, олар операция ислеймиз деп турып алды ҳәм операциядан кейин ол қалың линзалы көз әйнекти өмириниң ақырына шекем тағыўына туўра келетуғынын айтты.
«Қудайым, Сен қызым ушын усындай тәғдирди таярлап қойдың ба? Бул мениң жүрегимде тынышлық жоқлығы ҳәм бәрҳа бул ҳаққында тәшиўишленгенимнен бе?» — деп мен дуўа еткенимизде Қудайға мүрәжат еттим.
Күйеўим менен бирге бизлер Аманданың шыпаланыўы ушын дуўа еттик. Бизлер Қудайдан керек болған жағдайда бизлерге жәрдем бере алатуғын басқа шыпакерди көрсетиўин сорадық. Келеси күни бизлерге Аманданың аўырыўы ҳаққында ҳеш нәрсе билмейтуғын, бирақ усы тараўдың Лос-Анджелестеги балалар емлеўханасындағы жақсы тәжирийбели врач ҳаққында мағлыўматқа ийе болған бир танысымыз қоңыраў қылды.
Мен Аманданы усы шыпакерге алып бардым. Жақсылап көриктен өткеннен кейин ол бизлерге әжайып жаңалықты айтты: бизлердиң машқаламызды линзалар шеше алатуғын екен, ал операция болса улыўма зәрүр емес болып шықты. Сол ўақытта бизлердиң қандай жеңиллениўди бастан өткергенимизди көз алдыңызға келтире алсаңыз еди! Бизлер таярлық пенен Аманданы усы шыпакерге исендик, бирақ ол ушын дуўа етиўди де тоқтатпадық.
Сегиз жыл даўамында Аманда қатаң медициналық қадағалаў астында контакт линзаларын тағып жүрди. Әлбетте, оларды ҳәр күни азанда кийип ҳәм ҳәр күни кеште шешиў қатты шаршататуғын жумыс болды. Ол оларды жоғалтқанда, оларды излеп неше мәрте мектептиң спорт майданшасына жуўырыўыма туўра келди! Бирақ бизлер буның ҳәммесинен өттик ҳәм турақлы көриклердиң биринен кейин шыпакердиң: «Саған енди контакт линзаларда, операция да керек емес. Сениң көзлериң толық орнында!», — деп айтқан күнине жеттик. Бизлер бахытлы едик ҳәм Қудайға Оның басқарыўы ҳәм дуўа еткенлеримизге жуўаплары ушын миннетдаршылық билдирдик.
Балаларымыз не менен болса да — аязлаў, грипп — аўырған ямаса жарақат алған ўақытта, бизлер бәрҳа дуўа ететуғын едик ҳәм Қудай бизлерди бәрҳа еситетуғын еди. Керек болғанда бизлер шыпакерлерге мүрәжат еттик, себеби Қудай шыпакерлер арқалы да шыпалайды. Бирақ Мухаддес Китап: «Араңызда аўырыў адам бар ма? Ол исениўшилер жәмәәтиниң ақсақалларын шақырсын. Олар Ийемиз Ийсаның аты менен оны май менен сылап, ол ушын дуўа етсин. Исеним менен етилген дуўа аўырыўға шыпа береди ҳәм Ийемиз оны аяққа турғызады. Егер ол гүна ислеген болса, гүнасы кешириледи» (Яқып 5:14-15), — деп айтады. Бәрҳа дуўа етиўден баслаў керек ҳәм тек кейин зәрүр болса шыпакерге мүрәжат етиў керек, ал шыпаланыў алып болып оған гүманланбаў керек.
Баламыз китаптың басында айтып берген автомобиль апатына түскен ўақытта, оның арқасы ҳәм дизеси қатты урылған еди. Бизлер оның шыпаланыўы ушын, соның менен бир ўақытта емлеўханада толық медицианлық көрик ҳаққында ғам шегип тез дуўа етиўди басладық. Бизлер оның толық шыпаланыўы ушын дуўа етиўди даўам еттик, себеби арқадағы ҳәм аяқларындағы аўырыўлар оның өмирин бузыўын улыўма қәлемедик. Бизлерге келтирилген зыянға компенсация ҳаққында сораўды шешиў ушын апатқа айыплы айдаўшының қамсызландырыў компаниясынан қоңыраў қылған ўақытта, мен тосаттан Мухаддес Жазыўдан: «Мен саған пластырь қояман ҳәм сени жараларыңнан шыпалайман…» (Ерем 30:17), — деген бир аятты анық еситтим. Мен баламның саў-саламат екенине, ал өзлеримиздиң компенсациядан улыўма бас тартыўымыз кереклигине исенимли едим. Қудай меннен: «Саған ақша керек пе ямаса шыпаланыў ма» — деп сорап атырғандай еди.
«Маған шыпаланыў керек Қудайым, Саған миннетдарман», — деп мен екиленбей жуўап бердим.
Қамсызландырыў төлемин алыўға келисиў исеними азлықты билдирмейди. Бирақ усы жағдайда бизлер компенсациядан бас тартып дурыс иследик. Қудай аўырыўды бизлердиң дуўа етиўлеримиз бойынша шыпалаған ўақытта, бизлер өзлеримизди шыпаланыў болмағандай тутпаўымыз керек.
Мухаддес Китап шыпаланыў ўәдесин мол қылады. Даўыт: «Жаным Жаратқан Ийени алғысла. Оның барлық жақсылық-ларын умытпа. Ол барлық гүналарымды кеширип, дәртлеримниң ҳәммесин шыпалады» (Забур 102:2-3), — деп айтты. Ийса гүналарымызды кеширетуғын ҳәм денемизди шыпалайтуғын бизлердиң Ийемиз болыўды қәлейди. Келиң, усындай мүтәжлик пайда болмастан
Оны аўырыў ҳәм жарақаттан сақла. Айрықша мен Сеннен (белгиленген мүшениң аты) шыпаланыўы ҳаққында соранаман. Егер бизлер шыпакерге барыўымыз керек болса, бизлерге исениўимиз мүмкин болған тәжирийбелини көрсет ҳәм оған даналық ҳәм шыпаланыўдың жолларына ҳәм усылларына улыўма билим бер.
Қудайым, бизлердиң қутқарылыўымыз ушын азап шеккениң ҳәм бизлер ушын өлгениң ушын Саған миннетдарман. Мен Өзиңниң Сөзиңде исенетуғынларға шыпаланыў ҳаққында берген ўәдеңди орынлаўыңды Сеннен сорайман. Мен балама толық шыпаланыў ҳәм беккем ден саўлық бериўиңди күтемен.
«Бирақ бизлердиң гүналарымыз ушын Оның денеси жарақатланды, бизлердиң нызамсызлығымыз ушын азап шекти, тынышлығымыз ушын керекли жаза, Оған берилди. Бизлер Оның жаралары арқалы шыпа алдық».
«Солай етип, шыпа табыўыңыз ушын, бир-бириңиздиң алдыңызда гүналарыңызды мойынлаңлар ҳәм бир-бириңиз ушын дуўа етиңлер. Ҳақ адамның дуўасы жүдә күшли тәсирге ийе».
«Бирақ сизлер, Мениң атымды ҳүрмет етиўшилер ушын нурлары менен шыпа беретуғын әдиллик қуяшы туўылады. Сизлер қорадан шыққан бузаў сыяқлы ойнақлайсызлар».
«Өйткени Қудай сизлерди усы ушын шақырды. Масихтың Өзи сизлер ушын азап шегип, Оның изинен жүриўиңиз ушын өрнек көрсетти. Бизлердиң гүна ушын өлип, ҳақ болып жасаўымыз ушын, Ол гүналарымызды атанақ ағашта Өз денесине жүкледи. Оның жарақатлары арқалы шыпа таптыңыз».
«Сизлердиң нурыңыз таң сыяқлы ағаражақ, Дәрҳал шыпа аласызлар. Ҳақлығыңыз алдыңыздан жүрежақ, Ийемиздиң даңқы сени жетелейди».
13-бап
Егер бизлердиң балаларымызды усы консерваланған ҳәм тәбийий емес азық-аўқат дүньясында бир өзин қалдырсақ, онда олар натуўры азықланады. Бизлердиң жейтуғын көплеген аўқатларымыз, көп мәрте тазаланған, оларға сондай көп нәрсе қосылған ҳәм усындай азықтың азықлық баҳалығы ҳаққында гәп болыўы да мүмкин болғанында олардан көп нәрсе алынған. Бирақ балаларды бул тәшиўишлендирмейди. Оларға усындай аўқат унайды, себеби ол көз тартатуғын, жағымлы ийисли ҳәм дәми жақсы, оған қосымша және ҳәмме жерде дағазаланса, жумыс орынланды деп айтыўға болады. Ал, егер күйеўиңиз, мысалы, мениң Майклимдей усындай азықларды жақсы көрип ҳәм өзи ҳәм балалары ушын оларды үйге бәрҳа алып келетуғын болса, онда сизиң өмириңиз қатты қыйынласады. Бир күни үйге қайтып, әкесиниң қараўына қалдырылған тоғыз айлық баламның шийшесинде кола ишимлигин көрген ўақтымда таң қалғаным есимде. Мен сол ўақытта усы жағдайдағы қутқарылыўым тек дуўа етиў бола алатуғынын түсиндим.
Мен шаңарағымды саламат азыққа үйретиў ҳәм балаларды дурыс аўқатланыўға әдетлендириў ушын мүмкин болған ҳәмме нәрсени иследим. Мен олар менен тартысыўға ҳәм не болса да өзимниң ҳақлығымда турыўға таяр едим.
«Буған тақат ете алмайман. Тек бизиң үйде дурыслы аўқат жоқ»-деди балам жеркенишли даўыс пенен оған қосылып қызым да көзинде жас пенен: «Бизлердиң аўқатымыз сондай пайдалы, ҳәттеки кеўлимиз айныйды»-деди.
«Дәстурханы толған жәнжелли үйден, бир тислем қатты наны бар тыныш үй жақсырақ» (Нақ. мақ. 17:1) екенине исенетуғын едим, мен өзимди тутыўға ҳәм сезимлердиң еркине берилмеўге ҳәрекет ететуғын едим. Оларға бул ҳаққында еслетиў ушын егер олардың қасында бәрҳа болмасам, мен балаларымды дурыс аўқатланыўға исендире алмайтуғынымды түсинетуғын едим. Дуўа етиў арқалы ҳәрекет ететуғын тек Қудайдың күши жағдайды өзгерте алатуғын еди.
Дерлик барлық адамлар денесине дурыс қараў мәселесинде қыйыншылыққа дус келеди. Өзимниң ден саўлық ҳаққындағы китапларым ҳәм өзим ислеген дене шынығыўларымның видеокурсы арқалы мен терең қайғы ҳәм қапашылыққа түскен, усы машқала менен қатты тәшиўишленген көплеген сандағы адамлар менен таныстым. Егер балаларымызды дуўа етип қолламасақ, оларды бағытламасақ, өмиринде усындай машқалалары болмаўы ушын оларға дурыс әдетлерди түсиндирмесек ҳәм әдетлендирмесек, бизлер балаларымызға жүдә жаман хызмет көрсеткен боламыз.
Егер балаларыңыз еле кишкене болса, дуўа еткениңизде олар жақсы азық ҳәм дене шынығыўын жақсы көриўи ҳәм денесине дурыс қараўға үйрениўин сорап баслаң. Керисинше жағдайда жас өспиримлик жасында оларда жаман әдетлер болыўы мүмкин ҳәм сол ўақытта бир нәрсени өзгертиўге кеш болады. Буған жас өспиримлик ҳәм талабалық жасындағы қызлар ҳәм балалардың қалай аўқатланатуғынына қарап исениўге болады. Солай екен, кеш болмастан дуўа етиўди баслаң.
Егер балаларыңыз әлле қашан ер жеткен адамлар болса, және де белгиленбеген ўақытқа дуўа етиўди қалдырмаң. Ҳәдден зыят иштей менен ямаса, керисинше, оның жоқлығынан қыйналатуғын көплеген жас ҳаялларға тек ғана өз денесиниң қәлеўине қарсы емес, ал руўхый гүрести алып барыўға туўра келеди. Бахытсызлық олардың көпшилигиниң Қудайдың тәлиминиң көзқарасы менен улыўма туўры келмейтуғын ҳәм өмирди шөлкемлестириўдиң қудайлық қағыйдаларына қарсы болған зыят азықланыў әдетине қул болғанында. Мен усындай аўырыў менен азап шегип атырған көплеген ҳаялларды билемен. Дуўа етиўши ата-анаға ийе болыў несип етпегенлери көбинесе өзлериниң үстинен жеңиске ерискенин гүўалық етеди. Усындай әўметли болмаған басқалары болса, аўыр жағдайда болады.
Балаңыз денесине дурыс ғамхорлық етиўи ушын оған Мухаддес Руўхтың басқарыўы ҳәм күши керек. Сизиң дуўа етиўлериңиз оған жеңилис, қапашылық ҳәм депрессиядан қашыўға жәрдем береди. Сиз ушын өз ўақтында ҳеш ким дуўа етпегенине өкинбейсиз бе? Мен өкинемен.
Сеннен өтинемен: баламды түрли баланс дүзилмеген диеталарға қызығыўдан сақла. Өзиме Ийса Масихта берилген бийлик пенен (Лука 10:19-қа қараң) мен ол ушын соранаман ҳәм барлық жаман әдетлерге, барлық аўқатқа қумарлықтан, барлық ҳәдден тыс аўқатланыўдан, барлық аш қалыўдан ҳәм күнделикли азықланбаўға «яқ» деп айтаман.
Қудайым, Сен Өз Сөзиңде: «…ҳақыйқатты билип аласызлар, ҳақыйқат сизлерди азат қылады» (Юхан 8:32), — деп айттың. Балама зыянлы әдетлерден азат болыўы ушын қалай жасаў кереклиги ҳаққында ҳақыйқатты аш. Мен дурыс аўқатланыўды қәлеў менен бирге оған физикалық шынығыў менен күнде шуғылланыўға, көп таза суў ишиўге ҳәм өмириндеги барлық ашыў менен Сениң ўәсиятларыңа ерип жеңиўге қәлеў бериўиң ҳаққында сорайман. Қәлеген аўыр жағдайда ол Саған: «Қудайым, мени Өзиңниң жолларыңа үйрет…» (Забур 26:11), — деген сөзлер менен мүрәжат етсин. Оған өзиниң денеси — Сениң Мухаддес Руўхыңның ибадатханасы екенин аш.
Мен балам (қызым) Сен берген денесин қәдирлеўи, сақлаўы ҳәм оған ғамхорлық етиўин соранаман. Ол өзиниң денесине күтә аўыр қатнаста болмасын, ол өзин жәмийетлик ойдың ҳәм қабыл етиўдиң тәсири астында изертлемесин. Мен балам қандай да заманагөй дәрежеге ериўге мәжбүр ететуғын жәмийетлик журналлар, көк экран ҳәм кинолардың келтиретуғын азғырылыўларынан толығы менен азат болыўын соранаман. Ол: «Мениң көзлерим албыраўшылықты көрмеўи ушын алдын ал» (Забур 118:37), — деп айтсын. Оған ҳақыйқый көркемлиликтиң өзинде жасап атырған Мухаддес Руўхтың сулыўлығынан ибарат екенин көрсет. Ол ҳақыйқый сулыўлылықтың булағы — Қудайды сүйиўши жүректе екенин билсин.
Ол өзиниң саламат өмир тәризи ҳәм физикалық көркемлилик ҳаққында көзқарасын Сениң тәлимиңниң тийкарында дүзсин. Оған өзиниң денесине Мухаддес Руўхтың ибадатханасы сыпатында ғамхор болыўға күшли қәлеў бер.
«Денеңиздиң өзлериңиз Қудайдан алған ҳәм сизлерде жасап атырған Мухаддес Руўхтың ибадатханасы екенлигин билмейсизлер ме? Сизлер өзиңизге тийисли емессиз. Өйткени Қудай бийбаҳа төлем төлеп, сизлерди сатып алды. Сонлықтан да, өз денеңиз бенен Қудайды алғыслаңлар».
«Егер ким де ким Қудайдың ибадатханасын бузса, оны Қудай урады. Өйткени Қудайдың ибадатханасы — мухаддес ҳәм сол ибадатхана сизлерсиз».
«Солай етип, ҳәй туўысқанларым, Қудайдың мийрим-шәпәәти ҳақы сизлерге жалбарынаман, өзлериңизди Қудайға унайтуғын мухаддес ҳәм тири қурбанлық қылып, Оған бағышлаңлар. Бул сизлердиң Қудай алдындағы ылайықлы хызметиңиз болады».
«Ийемиз Ийса Масихтың сизлерди басқарыўына жол қойыңлар ҳәм гүнакар тәбиятыңыздың жаман қәлеўлерине бойсынбаңлар».
«Солай етип, жесеңиз де, ишсеңиз де, не нәрсени ислесеңиз де, ҳәмме нәрсени Қудайдың даңққа бөлениўи ушын ислеңлер».
14-бап
Мениң мектеп жылларым өзим ушын оқыў жеңил болғаны менен аўыр психологиялық сынақ болды. Сол себептен мен балаларымның мектептеги әўмети ушын ҳеш ўақытта дуўа етпедим. Усылай балаларымыздың биринде дислексияға[1] диагноз қойыламан дегенше болды. Баламыз айрықша зейинли ҳәм жүдә уқыплы болғанлықтан, оның оқыўында машқала пайда болыўы мүмкин деген ой мениң басыма ҳеш ўақытта келмеген еди. Күйеўимиз екеўимиз ушын балаларымыздың мектептеги оқыў барысы бәрҳа таўсылмайтуғын гүрес болғанлықтан, солай болса да оның оқыўдағы машқаласы бизлер ушын анық ҳәм медициналық тексериўден тастыйықланған сол күнге шекем баламызға не болып атырғанын түсинбейтуғын едик. Усының менен бизлерге көп ҳәлсиреўди бастан өткериўимизге туўра келгенине қарамастан, бизлердиң қоллаўымыз бәрҳа дуўа етиў болды. Күйеўим, мен ҳәм бизлердиң исениўши досларымыз баламыздың толық шыпаланыўы ҳәм Қудай бизлерге жубаныш жибериўи ҳәм бизлерди баламыздың усы айрықша көринисин көриўди үйрениўимиз ушын дуўа етиўди даўам еттик.
Бизлердиң ҳәммемиз неде болса да минсиз емеспиз. Бахтымызға, Қудай бизлердиң кемшиликлеримиздиң орнын Өзиниң күши менен толтырады. Мухаддес Жазыў: «Бизлер хызметимизди уқыплы болғанымыз себепли атқарып атырмыз, демекши емеспен. Бизлердеги бар уқып өзимизден шықпаған, ал Қудайдан берилген» (Кор. 2-х. 3:5), — деп айтады. Бул ўәде орынланды: Қудай балаларымызға мектепти әўметли тамамлаўға жәрдем берди, ал бизлер усы жыллардың ишинде ҳақыйқый билимди ҳәм даналықты бизлерге Қудай беретуғынына исендик.
Мухаддес Китап бизлерди Қудайды билиў Оның ҳәм Оның жолларының алдында ҳүрметтен басланатуғынына үйретеди. Егер бизлер Оның сөзлерине қулақ ассақ ҳәм Оның ўәсиятларын жүрегимизде сақласақ, егер бизлер Оның жолларын дурыс түсиниўге ҳәрекет етсек ҳәм Оннан бундай жәрдем сорасақ, егер жасырылған ғәзийнени излейтуғынымыздай сабырсызлық пенен даналықты излесек, бизлер Қудайды билемиз (Нақ. мақ. 2:1-12-қа қараң). Ал Қудайды билиў қандай шексиз! Ол бизлерди жаўызлықтан қорғайтуғын қалқанға уқсас болғанлықтан сондай үлкен.
Баланың оқыўға уқыбы ҳәм оның билимге талпынысы оның тәбийий қәсийети болып табылмайды. Соның ушын бизлер сол еле қурсағымызда болған ўақытта да баламыз ушын дуўа ете аламыз: «Қудайым, усы бала күшли ақыл ҳәм саў-саламат денениң минсиз бирлигинде Сеннен тоқып шығарылсын, ал Сен оның мәңгилик Устазы бол». Бул ҳаққында дуўа етиўди қаншелли ерте басласақ, соншелли жақсы. Балаңыздың неше жаста екениниң әҳмийети жоқ, сизиң дуўаларыңыз оның өмиринде жүдә көп нәрсени үзил-кесил өзгертиўге уқыплы.
Мен балам (баланың аты) ата-анасының даналығын ҳүрмет етиўин ҳәм олардан үйрениўди қәлеўин ҳәм оның өмирине Өзиң алып келген устазлардан үйрениўди қәлеўин соранаман. Қудайым, олар бәрҳа исениўши ҳәм баламды жақсылыққа үйретиўге уқыплы Қудайдан қорқатуғын адамлар болыўы ушын оларды қорға. Ол оның өмиринде Сениң жолыңнан балаларды алып кететуғын ҳәм өзиниң устазлық ўазыйпасын орынламайтуғын муғаллим болмасын. Балам (баланың аты) олар менен қарым-қатнасы бәрҳа жақсы болыўы ушын муғаллимлер менен жақсы болыўға үйрет. Оған мектепте барлық сабақлар бойынша үлгериўине жәрдем бер. Оқыў ол ушын аўыр гүрес ҳәм қыйыншылықты жеңиўге айланбаўы ушын оның билимге деген жолындағы барлық тосқынлықларды алып тасла. Оған таза ақыл, жақсы еслеп қалыўға яд бер ҳәм баламды (қызымды) өзиниң оқыў барысын ақыл менен шөлкемлестириўге үйрет. Ол уқыплы оқыўшы болсын.
Мен балама Сениң Сөзиң бойынша: «Жүрегиңди нәсиятқа, қулақларыңды болса дана сөзлерге аш» (Нақ. мақ. 23:12) ҳәм «Ийемиздиң Өзи саған ҳәммесин түсиндирсин» (Тим. 2-х. 2:7), — деп айтаман. Қудайым, оған Сени ҳәм Сениң Сөзиңди билиўден қуўаныш сезиўине жәрдем бер.
«Барлық балаларыңды Мен, Ийең оқытаман, Уллы тынышлық олардики болады».
«Дана адам тыңлайды ҳәм билимин асырады, Ақыллы адам дана мәсләҳәтлерди табадых».
«Халқым билимсизликтен, набыт болып атыр. Сизлер билимнен бас тартқаныңыз ушын, Мен де „Маған руўханийлик хызмет етпейсең“, — деп, сеннен ўаз кешемен. Сен Қудайдың нызамын умытқаның сыяқлы, Мен де балаларыңды умытаман».
«Жол-жобаларымды қатты усла, қойып жиберме, оларды қорға, себеби олар өмириң».
«Улым, нәсиятларымды қабыл қылып, буйрықларымды жүрегиңде сақла. Даналыққа қулақ асып, жүрегиңди ойыңа ашсаң, билимге шөллеген, даналыққа шөллеген болсаң, оны гүмис излегендей излесең, жасырын ғәзийне излегендей излесең, Ийемизден қорқыў не екенин түсинесең. Қудай Ким екенин билесең».
15-бап
Балаларымыз туўылыўдан кейин дәрриў мен Қудайдан оларға берген талантларын ашыўын ҳәм оларға жақсырақ түрде өзлериниң қәбилетлерин Қудайдың даңқы ушын раўажландырыўға жәрдем бериўин сораўды да басладым. Балаларымыз еле кишкене болған ўақтында, олардың намаға уқыбы анық болды ҳәм мен Қудайдан күйеўимиз екеўимизге балаларымыздың талантлары «жерге көмилмеўи» ушын не ислеўимиз кереклигин көрсетиўин сорадық.
Кристофер төрт жаста болған ўақытта бизлер оны фортепианода ойнаўға үйретиўди шештик, ол усыған қәбилетин көрсеткен еди. Бирақ бир неше жылдан кейин ол өзиниң нама менен шуғылланыўына қызығыўшылығын жоғалтты. Сол ўақытта Қудай маған баламның талантын «көмиўге» ҳуқықым жоқ екенине түсиник берди. Сонлықтан мен алты жасар балама ҳәр бир музыка сабағы ушын 25 цент төлеўге шешим қабыл еттим. Бул шешим маған Мухаддес Руўхтан келгени анық, себеби соннан берли мен Кристоферден он еки жасқа толған күнине шекем фортепиано сабағы бойынша бирде бир наразылықты еситпедим. Сол ўақытта мен оның көптен берли әрман еткен урып шертилетуғын саз әсбапларында, ойнаўды үйрениўи кереклигин сездим. Бул сапары маған баламнан музыка сабақларына дыққат аўдарыўын сораўыма туўра келди; ҳәммеси керисинше болды!
Енди Кристофер электрон клавишлерде, уратуғын ҳәм бас гитарада ойнайды, бирақ өзиниң қосықларына наманы ол ҳәзирге шекем фортепианода жаратады. Фортепианода ол аранжировканы да ислейди. Оқытыўшылар оның намалық әўметлерин, сөзсиз Қудайдың ерки бойынша болған балалығындағы сабақларда алған усы инструментти терең билиўи менен түсиндиреди.
Мухаддес Руўхтың басшылығын мен, сондай-ақ, қызымыздың вокал қәбилетин раўажландырған ўақтымызда да сездим. Душпан балаларымыздың талантларын өзин алғыслаў ушын ямаса олардың Қудайдың даңқына қолланылыўына тосқынлық етиў ушын талпынатуғыны себепли бизлер усы машқала ҳаққында дуўа етиўимиз керек. Балаларымыздың қәбилетиниң жетилисиўи ҳаққында дуўа бизлерден сабырлылықты талап етеди, себеби бул мақсетке тез жетилмейди.
Балаларымның өмиринде оларды заманагөй музыка искусствосы өзиниң барлық ылайықсыз сыртқы атрибутлары — кийимлери, айырым сазенделердиң турмыс тәризи өзине қатты тартқан дәўирлер де (12–14 жас) болды. Мен ҳәм күйеўим өзлеримиздиң гүрести балаларымыз бенен емес, ал шайтан менен алып барып атырғанымызды билетуғын едик, бирақ бизлер сондай-ақ өзлеримиздиң олардың қызығыўшылығы бойынша әҳмийетли сөзлеримизди айтыўға ҳәм рухсат етилген шегараны белгилейтуғын қағыйдаларды орнатыўға миннетли екенимизди де билетуғын едик. Бул бизлердиң балаларымызға заманагөй наманы тыңлаўды улыўма қадаған еткенимизди билдирмейди; бизлер олардың ислеп атырғанлары «Қудайдың даңққа бөлениўи ушын» (Кор. 1-х. 10:31-қа қараң) ислениўи кереклигин, себеби оларды буған Қудай шақырғанын билетуғын едик.
Бизлер балаларымыздың көзлерин дүньялық ҳәўеслерден жүз бурып ҳәм өзлери ушын Қудайдан белгиленген бағышланыўына қараўы ушын дуўа еттик. Бизлер Қудайдан балаларымыз кириўи керек болған барлық қапылар ашық болыўы ҳәм кирмеўи керек болған барлық қапылар жабық болыўы ҳаққында сорадық. Көп мәрте бизлер өзлеримиздиң дуўаларымызға жуўаплар алдық. Мысалы, бир күни Кристоферди түрли намалық топарларында бир неше гастрол сапарында қатнасыўға мирәт етти. Бизлер, күйеўимиз екеўимиздиң жүрегимизде тынышлық жоқ еди ҳәм бизлер баламыздың усы ҳәрекетиниң дурыслығына гүманландық. Ол 18 жасқа толған ўақытта, оны қосық жазыўға, масихый намаға арналған даўыс жазыў компаниясы — «Sparrow Records» ушын аранжировка ислеўге мирәт етти ҳәм сол жерде алғыс-мақтаў гимнлери альбомын шығармақшы болды. Бул сапары бизлер күйеўим менен бирге буның Қудайдың даңқы ушын Кристофердиң намалық талантын қолланыў мүмкиншилиги ҳаққында дуўаларымызға Қудайдан жуўап ретинде усы усыныстың келгенин анық билдик. Бирақ буның менен бизлер дуўа етиўди тоқтатпадық. Бизлер музыка бизнесиниң сахна артындағы өмирин жақсы билемиз ҳәм сол ўақытта бизлер гастрольлық өмирдиң жас масихый ушын ҳәўес ҳәм азғырылыўдың келтиретуғын қәўип-қәтерин анық түсинген едик. Соның ушын бүгинги күнде де бизлер Кристофердиң Қудайдан алған талантына садық қалыўы ҳәм усы талантын Оны алғыслаў ушын қолланыўы ҳаққында дуўа етиўди даўам етип атырмыз.
Қудай сизиң балаңызға қандай сый ҳәм талантларды берди? Сизлер оларды көрмегениңиз бенен, олар ҳәр бир адамда бар, себеби «Ҳәр бир адамның Қудайдан алған сыйы бар…» (Кор. 1-х. 7:7). Айырым ўақытлары ата-ананың дуўалары олардың көриниўине жәрдем береди.
Қудай сизге балаңыздың әжайып келешегиниң сырын ашқанда, ол келиўи ушын сүйиспеншилик пенен дуўа етиң. Мухаддес Китап: «Өзисине шебер адамды көрдиң бе? Ол әпиўайы адамларға емес, ал патшаға хызмет етеди» (Нақ. мақ. 22:29), — деп айтады. Қудайдан балаңызға аспаннан берилген талантларын раўажландырыўына жәрдем сораң ҳәм балаңызға (қызыңызға) өзиниң усы дүньяда уллы арналыўы бар екенин түсиндириң.
Ҳәр бир баланың таланты бар ҳәм бизлер оның өз ўақтында ашылыўы, раўажланыўы ҳәм Қудайдың даңқы көбейиўи ҳәм қолланыўы ушын дуўа етиўимиз керек.
Сениң Сөзиң бизлерге «берген мийрими бойынша» (Рим 12:6-қа қараң) берилген түрли талантларды көрсетиўди буйырады. Балам өзиниң уқыпларын — Сениң сыйларың екенин түсинген ўақытта ғана, ҳеш нәрсе: қорқыныш та, сапасы төмен комплекс те, өзине исенбеўшилик те — Сениң даңқың ушын оларды қолланыўға тосқынлық ете алмасын. Ол Сени еситсин ҳәм ўақтын өзиниң бағышланыўын излеўге сарп етпеў ямаса өмирдиң мәнисин улыўма жоғалтпаў ушын неге шақырылған болса, соны орынласын. Оның таланты босқа кетпесин ямаса Қудайым, Сениң даңқың болмаған нәрселерге қолланбасын.
Мен Сеннен өтинемен: оған өмириниң баслы иси неде екенин аш ҳәм онда жетилисиўге жәрдем бер. Оның қолының исин жарылқа, жақсы көретуғын иси менен өмирде пул табыў уқыбын бер.
Сениң Сөзиңде: «Саўға ийесине ҳәмме есиклерди ашады, үлкен адамның алдына алып барады»[2] (Нақ. мақ. 18:16), — деп айтылған. Оның мийнетин адамлар ылайықлы баҳаласын. Бирақ ҳәммесинен көбирек Өзиң жарылқаған баламның сый ҳәм талантларының Сениң даңқыңа жоқары дәрежеде хызмет етиўи ҳаққында соранаман.
«Себеби Қудай Өзиниң сыйларын қайтарып алып, шақырығын бийкарламайды».
«Бирақ Қудай ҳәр биримизге Масихтың сақыйлығына муўапық Өз мийримин сыйға берди».
«Ҳәр бириңиз жақсы хызметши сыпатында, Қудайдың сизлерге мийримлилик пенен берген ҳәр түрли руўхый сыйларын қоллана отырып, бир-бириңизге хызмет етиңлер».
«Ҳәр қандай жақсы ҳәм минсиз сый жоқарыдан, нурлар Әкеси болған Қудайдан келеди. Онда ҳеш қандай өзгерис ямаса өзгериўши көлеңке жоқ».
«Қудайдың Масих Ийса арқалы сизлерге берген мийрими себепли, сизлер ушын Қудайыма бәрқулла шүкирлик билдиремен. Өйткени сизлер Масих пенен қатнас жасағанлықтан, ҳәр тәреплеме бай болдыңлар. Әсиресе, Қудайдың сөзин айтыўда шешен ҳәм ҳәр қыйлы билимге ийе болдыңлар. Бизлердиң Масих Ийса ҳаққында гүўалығымыз сизлердиң өмириңизде усылай тастыйықланды. Солай етип, сизлер ҳеш қандай руўхый сыйдан кемшилик көрмей, Масихтың қайта келиўин интизарлық пенен күтесизлер».
16-бап
Бир күни мен баламның мектептен келип, бир неше әдепсиз сөзлерди айтқанын еситтим. «Бул жаман сөзлер. Егер булай ислемеў кереклигин билсең, қалай сен оларды айта алдың?» — дедим мен оған. «Бизлерде мектепте ҳәмме усылай сөйлейди», — деп жуўап берди балам. «Егер басқалар жаман ислесе, сен де солар сыяқлы ислейсең бе?» — деп сорадым мен. Кейин мен Қудай менен ушыраспастан алдын қолланған ҳәм Мухаддес Руўх пенен тазаланған бир неше қысқа бақырыс сөзлерин тосаттан айттым.
Балам маған көзинде қорқыныш көриниси менен қарады ҳәм: «Апа! Сен не айтып турсаң!» — деп бақырды. «Бирақ басқалары да солай ислейди ғо. Саған буны меннен еситиў унамай ма?» — деп жуўап бердим. «Бул жаман», — деген жуўап болды. «Билесең бе, мен қәлесем усындай тилде сөйлей аламан, бирақ мен буны қәлемеймен. Мениң сөзлерим сени, сениң руўхыңды хорлады. Сен усындай сөзлерди айтқаныңда, олар мениң руўхымды хорлайды. Бизлерден усындай сөзлерди еситип Мухаддес Руўхтың не сезетуғынын көз алдыңа келтир. Бизлерде таңлаў бар: Мухаддес Руўхты аўзымыз бенен хорлаў ямаса Оны алғыслаў. Қудай бизлерди қәлеген жағдайда сүйеди, бирақ бириншисинен бизлер жарылқаў, ал екиншисинде кеўил қалыўды аламыз», — деп даўам еттим.
Соннан берли мен ер жеткенлик жасына өтемен дегенше Кристоферден жаман сөзлерди бир мәрте де еситпедим. Сол күни бизлердиң ортамызда және сәўбет болды, мен оның буны ҳәзирги күнге шекем есте тутатуғынына исенемен.
Мен өзим қолланған тәрбиялаў усылымның кимди болса да таң қалдыра алатуғынын түсинемен. Ол мени де таң қалдырды ҳәм мен Қудайдан өзимди сол сөзлерди айтқан ўақтымда өзиме жабысқан патаслықтан тазалаўын сорадым. Бирақ олар басымнан ҳеш шықпады. Мен оларды тек олардың бузыўшы күшин көрсетиў ушын айтқан едим. Мен кимге болса да усы усылды қолланыўды ҳеш мәсләҳәт етпеймен, мен сөзлеримизде қуралған сол күшти тек анық көрсетиў ушын келтирдим.
Бизлер дөгерегимиздеги дүньяны өзлеримиз жаратамыз. Бизлердиң сөзлеримиз күшке ийе ҳәм солай екен, олар я өмир, я өлим алып келиўи мүмкин. Мухаддес Китап бир сөзлердиң өмиримизде үлкен машқалалар ҳәм кеўилсизликлерди туўдыратуғынын, ал басқалары бизлерди олардан қорғайтуғынын ескертеди. Сөзлер бизлердиң өмиримизди қутқара алады. Мухаддес Жазыў: «Ким тилин тыйып жүрсе, жанын қорғайды, Ал тилине ерк бергенлер бәлеге ушырайды» (Нақ. мақ. 13:3), — деп ескертеди. Бизлер Қудайдан өзлеримиздиң ҳәм балаларымыздың аўзын қорғаўын сораўымыз керек.
Усындай Қудайға жеркенишли, «Менде жақсы нәрсе жоқ», «Мениң өлгеним жақсы», «Өмир қорқынышлы», «Адамлар жаман», «Мен ҳеш нәрсеге жарамайман» деген сөзлер шығатуғын жүректиң Мухаддес Руўхқа толмағанын, ал оның қараңғылыққа оралғанын көрсетеди. Бул егер сиз өзиңиздиң сөзиңизди қадағалаўды үйренбесеңиз, балаңыздың өмириндеги барлық жаўызлықтың тамыры болатуғын шайтанның тимирискениўшиликлери болып табылады.
Мухаддес Китап, егер бизлер Қудайдың изине ерсек, өзлеримиз ойламай айтқан ҳәр бир сөзимизге жуўапкершиликти алатуғынымызды айтады. Қатаң төлем жердеги өмирде бизлерге жийи келеди. Мен ерктиң күши менен аңсат гүресиўге болатуғын нәрсе ушын сондай қымбат төлемниң кереги жоқ деп ойлайман. Өзлеримизди аўызларымыз бенен бизлер өзимиздиң дөгерегимизде сүйиспеншилик, қуўаныш ҳәм тынышлық таратыўымыз ямаса, керисинше, қарсылық егип, жеркениш келтире аламыз.
Бизлер балаларымыздың аўызлары өмир сөзлерин айтқанын қәлеймиз. Әлбетте, бул олардың жаман сөзлерин жасырыўы кереклигин билдирмейди. Тек олардың сөйлей алатуғын сөзлери оларды Қудайды түсиниўге, тәўбе етиўге ҳәм Оның алдында бузыў ушын емес, ал шыпаланыў ушын бойсыныўға алып келиўи керек.
Балаларымыздың аўзынан шығатуғын сөзлер олардың өзлерине, дөгерегиндегилерге ҳәм олардың өмир жағдайына кери тәсир етсе, бизлер онда өмир сөзлерин ала алыўы ушын оларды Қудайдың сөзине бағытлаўға миннетлимиз. Сөзди өзгертиўдиң ең дурыс усылы — жүректи өзгертиў, себеби «адамның кеўли неге толып тасса, аўзынан сол шығады-ғо» (Матта 12:34-қа қараң). Мухаддес Руўхқа ҳәм Қудайдың сөзиниң ҳақыйқатына толы жүректен оларды айтқан ҳәм оларды еситетуғын адамға өмир алып келетуғын Қудайға унамлы сөзлер шығады. Бизлердиң дуўаларымыз дәл усыдан басланыўы керек.
Баламды (қызымды) өзиниң тили қоятуғын торларынан сақла. Сен Өзиңниң Сөзиңде: «Аўзын ҳәм тилин сақлаған, өз жанын тәшиўишлерден сақлайды» (Нақ. мақ. 21:23), — деп ўәде бересең. Оны өз тилин сақлаўға үйрет ҳәм оны түрли бахытсызлықтан қорға. Сениң Сөзиңде: «Өлим де, өмир де тилдиң бийлигинде, биреўин сүйген мийўесин жейди» (Нақ. мақ. 18:21), — деп айтылған. Балама қәлеген жағдайда адамларға қалай ҳәм қашан сөйлеў кереклигин түсиниўине жәрдем бер. Ол үмит, шыпаланыў, жигерлендириў ҳәм өмир сөзлерин бәрҳа сөйлесин ҳәм әдепсиз сөзлерди ҳеш қашан қолланбасын.
«Мениң аўзымдағы сөзлерим ҳәм ишимдеги ойларым, Қудайым, Саған унамлы болсын. Сен жар тастай беккем Қорғанымсаң ҳәм Қутқарыўшымсаң, Қудайым».
«Жақсы адам кеўлиндеги жақсы ғәзийнесинен жақсылық шығарады, ал жаман адам кеўлиндеги жаман ғәзийнесинен жаманлық шығарады».
«Сизлерге айтатуғыным мынаў: адамлар айтқан ҳәр бир бос сөзи ушын, ҳүким шығарылатуғын қыямет-қайым күнинде жуўап бериўлери шәрт. Өйткени сен өз сөзлериң менен ақланасаң да, өз сөзлериң ушын айыпланасаң да».
«Жағымлы сөз балдай, жанға рәҳәт, сүйеклерге шыпалы».
«Ойламастан айтылған сөз қылыштай суғылады, дананың гәплери болса шыпа береди».
17-бап
Тазалықта ҳәм мухаддесликте жасаўға үйретилген балалардың жүзлери жарық, бахытлы ҳәм ҳайран қалатуғындай сулыў болады. Мухаддес Китап: «Жас баланы минез-қулқынан, туўры — пәклигин исинен билиўге болады» (Нақ. мақ. 20:11), — деп айтады. Бизлер балаларымыздың диншил болыўын ҳәм өзиниң әдеп-икрамлық тазалығы себепли сырттан сулыў болыўын қәлеймиз. Бирақ бул өз-өзинен болмайды. Буған үйретиў керек. Балаларды Қудайдың таза жолларына үйретиў ҳәм олар ушын Қудайға садықлықта үлги болыў бизлердиң қолымыздан келгени менен, солай болса да ҳақыйқый устаз тек Мухаддес Руўх бола алады. Мухаддеслик Қудайға сүйиспеншиликтен басланады. Мухаддес Китап бизлердиң ҳәр биримизге: «…өзиңди таза тут» (Тим. 1-х. 5:22-ге қараң), — деген ўәсият береди. Бул көрсетпени орынлаў қәлеген адамға, әсиресе балаға қыйын. Оны тек Қудайға, Оның нызамларына ҳәм Мухаддес Руўхтың күшине толық бойсыныў шәртинде орынлаўға болады.
Бизлер көшип өткен ўақтымызда баламыз мектепти тамамлап атыр еди ҳәм оған таза коллективке үйренисиў қыйын болған еди, бул жас өспирим ушын, терең исениўшиге де аўыр сынақ болды. Бул кишкене масихый мектеп еди. Биринши ҳәпте даўамында Кристофер барлық классласлары менен танысты. Олардың улыўма айланасында бир Сенди деген жигит айырылып турды, ол әжайып спортсмен, жақсы оқыйтуғын еди ҳәм оны түрли жетискенликлери ушын көп сыйлықлаған екен. Бирақ Сендидиң ең әҳмийетли белгиси оның сөзлери ҳәм ислериниң Қудайдың алдындағы терең ҳүрметин ҳәм Оның ўәсиятларына ҳүрметин көрсетиўи еди.
Бир күни барлық балалар азанғы аўқатқа бирге жыйналғанда бир уятсыз ҳәзилди айтып жиберди ҳәм Сендиден басқа ҳәммеси күлди. Балам басқалар менен бирге күлгенин мойынлады. «Мен тазадан келгенмен ҳәм мен басқа планеталы болып көриниўди қәлемедим», — деп усы ўақыя ҳаққында үйде айтып берип атырып ол ақланды.
Тез арада Кристофер Сендидиң әдепсиз ҳәзиллерге ҳеш ўақытта күлмейтуғынын, шекпейтуғынын, ишпейтуғынын ҳәм урыспайтуғынын көрди. Бирақ, буған қарамастан ҳәмме оны жақсы көретуғын ҳәм ҳүрмет ететуғын еди.
Бир күни, үйге ата-аналар жыйналысынан қайтып, мен Кристоферге сол жерде танысқан бир әжайып ҳаял ҳаққында айтып бердим. «Ол топардан улыўма қалай болса да бирден айырылып турды. Онда сонша жақсылық, жыллылық ҳәм сүйиспеншилик бар — ҳақыйқый Қудайдың адамы, буған қоса оның әжайып ҳәзил сезими бар. Маған оның менен сөйлесиў соншелли жеңил болғанлықтан, енди маған оның менен толық мәңгиликтен таныс болғанымдай түйилип атыр», — дедим мен. Сол ҳаялды сүўретлеп бергенимде, Кристофер: «Бул Сендидиң анасы ғо», — деп бақырып жиберди.
«Әлбетте, қалай мен дәрриў билмедим! Сендидиң ата-анасы тек усындай — руўхый күшли, терең исениўши ҳәм дуўа ететуғын болыўы мүмкин. Балалар шараяттың ерки бойынша Сенди сыяқлы болмайды, оларды тәрбиялаў керек», — деп жуўап бердим.
Пүткил оқыў жылы даўамында бизлер усы әжайып шаңарақты гүзеттик ҳәм оның ҳәр бир ағзасының айрықша жеккелик екенин көрдик. Не ушын? Себеби олардың өмириниң тийкарында ажыралыў ямаса тәсир қалдырыўға талпыныў емес, ал Қудайды терең ҳүрмет етиў ҳәм Оның жолларында — мухаддеслик ҳәм тазалық жолында жүриўди қәлеў жатыр.
Балам сол мектепте енди оқымайды ҳәм бизлер Сендидиң шаңарағы менен басқа қатнаспаймыз, себеби бизлердиң өмирлик жолларымыз айырылып кетти, бирақ бизлер оны ҳеш ўақытта умытпаймыз. Олардың үлгиси бизлерди жоқарырақ мақсетлерге талпыныўға мәжбүр етти, бизлердиң әдеп-икрамлық дәрежемиз жоқары болыўына себепши болды ҳәм бизлерди минсизликти баҳалаўға үйретти.
Келиң, балаларымыз динге берилген өмирди жақсы көриўи ушын, ол оларды магнит сыяқлы тартыўы, оларды биреў жаман қылмысқа ийтерип атырғанда ҳәр сапары, сол ўақыттың өзинде душпанды таныўы ҳәм азғырылыўды жеңиўи ушын дуўа етейик. «Себеби Қудай бизлерди ҳарам болып жасаў ушын емес, ал мухаддес болып жасаў ушын шақырды» (Сал. 1-х. 4:7), — деп жазылған. Қудайдың ўәсиятлары бойынша өмир өзинде пүткил адамзаттың жеккелигиниң тазалығын ҳәм пүтинлигин нәзерде тутады. Әдеп-икрамлылық — ҳақыйқый мухаддесликтиң тийкары. Диншилликке талпынатуғын ҳәм Қудайды излейтуғын балалар бәрҳа жарылқанған ҳәм өмирлик күшке толған болады.
Сенди — Мухаддес Жазыўдағы: «Жассаң деп, өзиңди ҳеш кимниң кемситиўине жол қойма. Керисинше, сөйлеген сөзиң, жасаў тәризиң, сүйиспеншилигиң, исенимиң ҳәм пәклигиң менен исениўшилерге өрнек бол» (Тим. 1-х. 4:12), — деген сөзлердиң әмелге асыўы. Мухаддеслик ҳәм тазалық жолы бойынша жүретуғын балалардан басқа әжайып ҳеш нәрсе жоқ. Келиң, балаларымыз олардың арасында болыўы ушын дуўа етейик.
Сен Өз Сөзиңде: «Пәк кеўиллилер бахытлы! Олар Қудайды көреди» (Матта 5:8), — деп айттың. Таза жүрегинен шығатуғын динге берилип жасаўды қәлеўи баламның барлық ислеринде ҳәм оның сыртқы көринисинде сәўлеленсин. Оның кийими, шаш түрмеги, бетиниң көриниси, сыртқы көриниси толығы менен оның Сениң алдыңда ҳүрметли ҳәм Қудайым, Сени алғыслаўды қәлеўи ҳаққында гүўалық етсин.
Егер балам (қызым) қашан болса да мухаддеслик жолынан шықса, оны тәўбеге алып кел ҳәм оның жүрегин ҳәм өмирин тазала. Баламды динге берилген өмир жарылқаў ҳәм уллы сый — Сени көриўге алып келетуғынын түсиниўге үйрет.
«Ийемиздиң таўына кимге шығыўға болады, мухаддес орнында кимниң турыўына болады? Тек қолы менен жүреги таза жанға болады, ҳеш қандай бутқа табынып, өтирик сөйлемейтуғынға болады. Усындай жанды Жаратқан Ийе жарылқайды. Қутқарыўшы Қудай оны мийрими менен ақлайды».
«Үлкен бир үйде тек алтын ҳәм гүмис ыдыслар емес, ал ағаш ҳәм ылай ыдыслар да бар. Олардың биреўлери сыйлы, ал биреўлери сыйсыз ис ушын қолланылады. Солай етип, егер ким де ким өзин жаманлықлардан тазаласа, онда ол сыйлы, мухаддес қылынған, хожайынына пайдалы ҳәм ҳәр бир жақсы иске тайын ыдыс болады».
«Мендеги жемис бермейтуғын ҳәр бир шақаны Ол кесип таслайды. Жемис беретуғын ҳәр бир шақаны және де көбирек жемис берсин деп, путап тазалайды».
«Ол жерде бир үлкен жол болажақ, Сол жол «Мухаддес жол» деп аталажақ, Оннан напәк адамлар жүрмейтуғын болар. Бул жол қутқарылатуғынлардың жолыдур. Усы жолдан жүриўшилер, тәжирийбесиз болса да, адаспайды. Арыслан ол жерде болмас, Жыртқыш ҳайўан сол жолдан өтпейди, Олар болмас ол жерде. Ал қутқарылғанлар жүретуғын болар сол жолда. Ийемиздиң қутқарылыўы қайтып келеди қуўанышлы бақырыслар менен олар Сионға барады. Жүзлеринде шексиз қуўаныш болады, Олар шадлық ҳәм қуўаныш табады, Қайғы ҳәм гүрсиниў олардан алыслайды».
«Сондай әўлад бар, өзиниң нәзеринде пәк, бирақ жаманлығынан тазаланбаған».
18-бап
Балам он бир жасқа толған ўақытта, тосаттан ҳеш қандай көринетуғын себепсиз оны түнги қорқынышлар гүзете баслады. Ол қорқыныш фильмлерин көрмейтуғын еди ҳәм сол ўақытта оның менен ҳеш қандай сырлы нәрселер болмайтуғын еди. Бизлер бул ҳаққында бир неше мәрте Кристофер менен бирге дуўа еттик, бирақ қорқынышлы түслер оннан кетпеди.
Бир күни азанда мен Қудайдан усы көринистиң себебин ашыўын сорадым, мен баламның ханасында жүриўге қатты қәлеўди сездим. «Қудайым, егер Кристофердиң ханасында сол жерде болмаўы керек нәрсе бар болса, оны маған көрсет», — деп сорадым. Сол ўақытта аяқларымның өзлери мени компьютердиң қасында ойынлары бар диск жатырған столға алып барды. Мен биринши қолыма түскен, ибадатханадағы досларының биринен Кристофер ўақытшаға сорап алған дискти алдым. Дисктиң қутысы балалардың қызық ўақыялы ойынларының қәлеген қутысы сыяқлы улыўма айыпсыз көринди. Оны ашып, мен алдын қызық ҳеш нәрсе көрмедим, бирақ кейин оның атында жеркенишли шайтанның белгисин көрген көрсетпени таптым. Мен таң қалған едим, бирақ: «Қудайым, Саған миннетдарман», — деп айттым ҳәм дискти баламның ханасынан тез алып шықтым.
Егер ойын балама тийисли болғанында мен екиленбестен оны жоқ қылған болар едим, бирақ сол жағдайда мен оның ийесиниң ата-анасына қоңыраў қылдым ҳәм өзимниң ашылысым ҳаққында айтып бердим. Олар меннен кем таң қалмады, себеби бул ҳаққында олар да ҳеш нәрсе билмейтуғын еди. Кристофер мектептен қайтып келген ўақытта мен өзимниң тапқан нәрсем ҳаққында айтып бердим. Ол бул көрсетпени еле ақырына шекем оқымағанын ҳәм онда не бар екенин билмегенин айтты. Ол бул ойынды қайтарып бериўди екиленбестен шешти.
Сол күни кеште бизлер күйеўим менен баламның ханасын ийис май менен майладық ҳәм дуўа етип Қудайдан оны тазалаўын сорадық. Бизлер Мухаддес Китаптың: «…ҳәм мәдений төгиннен мойынтырық түседи» (Ийшая 10:27), — деген сөзлерин есте туттық. Мухаддес Китапта көбинесе адамларды майлаў ҳаққында айтылғаны менен, бәрибир онда жарық етиў мақсетинде турақ жайларды майлаў сүўретленген эпизодлар бар. Мысалы: «Соңынан майлайтуғын зәйтүн майын алып, шатырды ҳәм оның ишиндеги барлық буйымларын майлап, мухаддес қыл» (Шығыў 40:9). Өзимиздиң алдымызда душпанның барлық мойынтырығын бузыў ҳәм баламыздың ханасын түрли жаман нәрседен тазалаў мақсетин қойып, бизлер қапының тесиклерин майладық ҳәм Қудайдан болмаған ҳәмме нәрсе оннан қуўылыўы ушын ханаға Мухаддес Руўхты мирәт еттик.
Бизлердиң дурыс ислегенимиздиң гүўалығы, олар ҳеш ўақытта болмағандай Кристофердиң түнги қорқынышларының толық тоқтаўы болды.
Ҳәр бир үй, балаларымыздың ханалары ўақты-ўақты айрықша тазаланыўға мүтәж. Мухаддес Китап, егер бизлер үйимизге қандай да жаман нәрсе алып келсек, соның менен оны бузатуғынымыз ҳаққында айтады. Турақ жайды майлаўды профилактикалық мақсетте ўақты-ўақты өткериў керек, бирақ егер сиз балаңыздың жүрис-турысында жаман өзгерислерди көрген болсаңыз: ол қорқақ ямаса әдепсиз, ашыўшақ, ямаса түнерген, өзинде жабылған, өзин алып баратуғын болса, ямаса оны қорқынышлар қыйнаса, онда айырым ўақытлары ҳәммеси жақсы тәрепке өзгериўи ушын баланың ханасында дуўа етиў жетерли болады. Масихый қосықларды, алғыс гимнлерин айтыў ҳәм табыныў жүдә жақсы тәсир етеди. Мен усыдан кейин балаларымда жақсы өзгерислерди көргенимди гүўалық етемен.
Мен он алты жаслы баласын алкоголь, нәшебентлик ҳәм оккультли ғәрезлиликке тартқан шайтанға қарсы аўыр урысты алып барыўына туўра келген бир ерли-зайыплы менен таныспан: ол мектепте болғанда, ата-аналары оның ханасында гимн табыныўларын айтатуғын, Мухаддес Жазыўдан үзиндилер жазылған кассеталарды қоятуғын еди. Нәтийжеде бойсынбаўшылық руўхы сындырылды ҳәм бала және тыныш ҳәм Қудайдан қорқатуғын болды.
Балаңыздың ханасында дуўа еткен ўақтыңызда Қудайды алғысламайтуғын ҳәмме нәрсени алып таслаң: афишалар, китаплар, журналлар, картиналар, сүўретлер, ойынлар, кийим — ғыйбатшылықтың қәлеген белгилерин қурайтуғын алкоголь ямаса нәшебентлик пенен байланыслы нәрселер. Усының менен балаға өзиңиздиң ҳәрекетиңиздиң мәнисин ҳәм буған Қудайдың қандай қатнаста екенин, бул ҳаққында Өзиниң Сөзинде не айтатуғынын сүйиспеншилик ҳәм сабырлылық пенен түсиндириўди умытпаң. Егер мүмкин болса балаға барлық ылайықсыз нәрселерди өзи алып таслаўын усыныс етиң. Балаға оның ханасын Қудайды хорлайтуғын барлық нәрседен тазалаў оның өзиниң тынышлығы ҳәм оның Қудайдың жарылқаўын алыўы ушын керек екенин түсиндириң. Кейин балалар ханасында дуўа етиң ҳәм Қудайдан оны тазалаўын сораң. Мен усындай дуўалардың нәтийжесинде жүз берген әжайып өзгерислердиң гүўасы болдым.
Оларда ҳеш қандай ырым жоқ, керисинше, оларда сиз үйиңиз, балаңыз ҳәм оның пүткил өмири Қудайға бағышланғанын тастыйықлайсыз. Сиз: «…мен ҳәм мениң үйим Қудайға хызмет етемиз» (Ешуа 24:15), — деп жәриялаўыңыз керек. Бул үйиңиз жарықланғанын ҳәм Қудайдың даңқы ушын белгиленгенин билдиреди.
Келиң, зәрүрлик пайда болмастан
Баламның (қызымның) ханасын оған жаўызлық ҳеш қандай тақылетте кире алмаўы ушын Өзиңниң қорғаўшы дийўалың менен қорша. Бул турақ жайды Өзиңниң сүйиспеншилигиң, тынышлығың ҳәм қуўанышың менен толтыр. Баламның аўзына Даўыттың: «Таза жүрек пенен сарайымда жүремен. Ҳарам нәрселерге ҳеш көз салмайман…» (Забур 100:2-3), — деген сөзлерин салыўыңды сорайман. Қудайым, Сеннен өтинемен: баламның ханасын Өзиңниң даңқың менен жарық қылынған таза жер қыл.
«Үйиңизге оңбаған нәрселерди алып бармаң болмаса сизлер де сол нәрселер сыяқлы жоқ боласызлар. Олардан жүз бурып, жек көр, себеби олар жоқ қылынады».
«Жуўынып, пәклениңлер. Жаўызлық ислегениңизди Мен көрмейин. Жаўызлық ислеўден бас тартың».
«Солай етип, сүйикли туўысқанларым, усындай ўәделерге ийе болғанымыз себепли, денемизди ҳәм руўхымызды ипласлайтуғын ҳәр бир нәрседен өзлеримизди тазалайық. Қудайдан қорқып жасап, минсиз мухаддесликке жетилисип барайық».
«О, Қудай, реҳим ет маған, Уллы мийрим-шәпәәтиң арқалы, Нызамсыз ислеримди жуўып тасла, Сансыз мийримиң менен, Нызамсыз ислеримди жуўып, гүналарымнан пәкле мени».
«Әдалатсыздың үйи Ийемиздиң ғарғысына, әдил адамның үйи болса берекетке толады».
19-бап
Қорқыныш мени балалықтан баслап гүзетти, себеби мени психикалық қызба ана тәрбиялады. Оның жарым ес минези ҳәм агрессив жүрис-турысы мени бәрҳа стрессте услап туратуғын еди. Үлкейгенимнен соң мен Масихқа келгенимде, қорқыныштың ҳақыйқый себебин билиўди ҳәм оның менен гүресиўди үйрендим. Мен балаларым ушын руўхый гүресте де сол усылды таңладым.
Лос-Анджелесте бизлерге жер силкиниў, өрт, суў тасқыны, көше тәртипсизлиги ҳәм жынаятшылықтың күшейиўин бастан өткериўимизге туўра келди. Сол шараятларда қорқыныш әлбетте, егер бизлер оған берилсек өмиримизди аңсат қатыра алатуғын еди. Бирақ бизлердиң оған қарсы қуралымыз Қудайдың қорғаўы ҳаққында турақлы дуўамыз болды. Мен балаларымның көзинде қорқынышты көриўден-ақ, бизлер пүткил шаңарағымыз бенен дуўа етип, Мухаддес Китапты оқып, алғыс айтыўды баслайтуғын едик. Сол жерлерден көшип, бизлер азғана болса да тынышландық, бирақ буған қарамастан бизлер сол ўақытта алған сабақларымызды ҳәм олардан ең баслысын — минсиз Қудайдың сүйиспеншилиги ҳәр бир адамның жүрегиндеги барлық қорқынышты қуўыўға күшли екенин умытпадық.
Қудайдың бизлерди сақлап ҳәм қорғаўға уқыплы екенине исениўди тоқтатқан ўақтымызда қорқыныш бизлерди бийлейди. Қорқыныш балаларды аңсат қул қылады, себеби олар нениң ҳақыйқат, ал нениң өтирик екенин еле айырып билмейди. Бизлер сүйиспеншилик, қоллаў, жубаныш сөзлерин айтып, оларға жәрдем бере аламыз. Бирақ қорқыныштан азат болыўдың жалғыз дурыс усылы Қудайдың сөзин исеним менен ҳәм Оның сүйиспеншилиги, күши ушын Қудайға алғыс жәрияланатуғын дуўа етиў қалады.
Ийса шәкиртлери менен теңизде болғанда ҳәм даўыл көтерилгенде, Ол олардың қорқынышларына: «…Неге буншама қорқасызлар, ҳәй, исеними азлар?» (Матта 8:26), — деген сөзлер менен жуўап берди.
Ийса бизлердиң Өзиниң шәкиртлери сыяқлы: егер бизлер менен сол жерде Ол болса, өмиримиздиң кемеси шөкпейтуғынына исениўимизди қәлейди.
Бирақ, айырым ўақытлары қорқыныш жүдә аўыр қыйыншылық болыўы ҳәм баланың жанын ҳеш қандай шаралар ҳәм ҳеш қандай сөзлер жәрдем бере алмайтуғындай етип қысыўы мүмкин. Бул баланың изинен қорқыныш руўхы жүргенин билдиреди. Бирақ Мухаддес Китап қорқыныш руўхының Қудайдан емес, ал жанымыздың душпанынан келетуғынын анық айтады.
Ата-аналар қорқыныш руўхына қарсы шығыўға Ийса Масихта бийлик ҳәм күшке ийе. Қорқыныш бизлердиң үстимизден бийликке ийе емес, бирақ бизлер барлық душпанлық күштиң үстинен бийликке ийемиз (Лука 10:19-қа қараң). Буған ҳеш гүманланбаң. Егер узақ ўақыт даўамында сизлер тынышлыққа ийе бола алмасаңыз, бир неше терең исенетуғын масихыйлардан өзиңиз бенен бирге дуўа етиўин сораң. Себеби қай жерде еки ямаса үш исениўши Ийемиздиң атынан жыйналса, Ол сөзсиз олардың арасында болады (Матта 18:20-қа қараң). Қорқыныш руўхы Ийемиз болған жерде бола алмайды.
Ийса бизлер менен болғанлықтан, балаларымыз қорқынышта жасаўға келисим бермеўи керек.
Қорқыныш тийкарлы болған ўақытта оған даналық бер, қорға ҳәм Өзиңе қарат. Балама өзиниң қорқынышларына көзин жумбай, ал олар ҳаққында дуўа етип Саған айтып ҳәм олардан азат болыўды сораўды үйрет. Мен усындай жағдайда Сениң сүйиспеншилигиң оның өмирине кириўин ҳәм оннан барлық қорқыныш руўхын шығарыўыңды соранаман. Ол Сениң сөзиңди жүрегине қабыл етсин ҳәм оның жанында исеним беккемленсин.
Қудайым, бизлерди түрли қорқыныштан азат етиўге берген ўәдең ушын Саған миннетдарман. Ийсаның атынан бүгинниң өзинде баламның түрли қорқыныштан азат болыўын соранаман.
«Ийем, Сениң ийгилигиң қандай мол, Өзиңди қәдирлеп, паналайтуғынлар ушын соны сақлап, халықтың алдында бересең».
«Қорықпа, өйткени Мен сениң менен биргемен, уялма, себеби Мен сениң Қудайыңман. Мен саған күш ҳәм жәрдем беремен. Әдил қолларым менен саған қалхан боламан».
«Сениң Өзиниң қанаты менен жаўып алады, усылай өмириң қәўип-қәтерсиз болады. Қорғанатуғын қалқаның — Оның ҳақыйқаты. Түнде сен қара түнек қорқыныштан, күндиз қорқпайсаң душпанның оқларынан. Сескенбейсең түнги аўырыўлардан ҳәм тал түсте басыңа түскен апаттан».
«Жаратқан Ийем — нурым, қорғаўшым мениң, кимнен мен қорқаман усылай болса?»
«Өлим азабы мени қоршады, нызамсызлық тасқыны көмип таслады. Әжелдиң шынжыры мени орады, өлимниң торы шынжырлап таслады. Қатты қыйналып, Жаратқан Ийеге сыйындым, жәрдем сорап Қудайыма жалындым. Мухаддес орнынан Ол еситти, өтинишим Оның алдына барды».
20-бап
Шайтан балаңыздың санасын ийелеў ушын ҳәмме нәрсени ислейди. Бирақ, бахтыңызға, сизлерде оған қарсы соққы бериў ушын бийлик бар. Егер балаңыз еле кишкене болса, сизлер оның нени көретуғынын, тыңлайтуғынын, оқыйтуғынын қадағалай аласыз. Бирақ, сизиң ең баслы күшиңиз дуўа етиўден қуралған. Соның ушын, егер балаңыз әлле қашан ер жеткен ҳәм күнде сизиң қасыңызда болмаса, сизлер оның санасы бәрҳа таза ҳәм анық болыўы ушын дуўа ете аласыз.
Бизлер Ийсаны өмиримизге мирәт етип ҳәм Мухаддес Руўхқа толған ўақтымызда, бизлер басқа көплеген жарылқаўлардан тысқары туўры ақыл — басқа ҳеш қандай ҳәм ҳеш жерде алыў мүмкин болмаған сыйды аламыз. Бул бизлерге Масихтың ақылы берилгенин билдиреди. Мухаддес Китап: «Масих Ийсада болған мына кишипейилликке сизлер де ийе болыңлар»[4] (Филип 2:5), — деп айтады. Бизлер дүньяның азғырылыўларына Масих бизлерди басқарыўды баслағанда, ал бизлердиң өз ақылымыз Оған бойсыныўда ҳәр бир ойымызды тутқынға алыўымыздан жаңарған ўақытта қарсы тура аламыз.
Мениң анам ерте жаслығынан 67 жастағы өлимине шекем өмир бойы психикалық кеселлениў менен қыйналды. Мен елеслер дүньясында жасаў ҳәм өзиңниң ойыңды басқара алмаўдың не екенин өз көзим менен көрдим. Мен бүгинги күнде де бул ҳаққында еслесем жүрегим суўлайды. Қудайға исенип, мен өзим, де балаларым да усыған уқсас нәрсени бастан өткермеўимиз ушын дуўа ете басладым. Қәўетер ўақытларында мен: «…Қудай бизлерге қорқыныш руўхын емес, ал күш, сүйиспеншилик ҳәм салдамлылық руўхын берди»[5] (Тим. 2-х. 1:7), — деп қайталайтуғын едим.
«Қудай бизлерге анық ақыл берди. Ол сондай анық ақылды балама ҳәм қызыма да берди. Азырағына мен ҳеш қашан келиспеймен», — деп көп мәрте қайталайтуғын едим.
Психикалық аўырыўлар бәрҳа нәсилден-нәсилге бериле бермейди. Қудай балаларымызға психикалық аўырыўдан қыйналыўды ямаса сезимлик қызба болыўды белгилемеди.
Ақылдың жағдайы баслы түрде оның ийесиниң не ҳаққында ойлайтуғыны менен белгиленеди. Егер оның басы бос, дүньялық машқалаларға толы болса, онда оның ойлары шатасқан болады ҳәм өзиниң сезимлери үстинен басқарыўды жоғалтады; егер адам Қудайдан болғанлар ҳаққында — әсиресе Оның Сөзи ҳаққында ойласа, онда оның ақылы бәрҳа анық болып қалады, ал жүрегинде болса тынышлық орнайды. Мухаддес Китап: «…Қудай тәртипсизлик Қудайы емес, ал тынышлық Қудайы» (Кор. 1-х. 14:33), — деп айтады. Бизлердиң ата-ана сыпатындағы биринши ўазыйпамыз Қудайдың сөзи балаларымыздың басында жасаўынан ибарат, сонда олардың ақылы бәрҳа жарық болады, ал бизлердиң қорқынышымыз болса жоқ болады.
Қудай бизлерге туўры ойлаў уқыбын берди. Солай екен, бизлер азына қанаатланыўды қәлеймиз бе? Келиң, Қудайдан дәл усы сыйды сорайық.
Мен оның Қудайды пүткил жүреги менен сүйиўин, оның басында шайтанның өтиригине орын болмаўын соранаман. Сениң Сөзиң оның жүрегинде беккемленсин ҳәм оның ойы таза, мүләйим, адамгершиликли, мақтайтуғын нәрсеге толтырылсын (Фил. 4:8-қа қараң). Ол өзиниң санасына киретуғын ҳәмме нәрсениң өзиниң бөлеги болатуғынын түсиниўди үйренсин ҳәм ол көрген ҳәм еситкенлериниң ҳәммесин жақсылап өлшесин.
Сениң Сөзиңде «ол Саған табынғаны себепли руўхы беккемди Сен минсиз дүньяда сақлайтуғының» (Ийшая 26:3), — айтылған.
Ол бәрҳа анық пикирлейтуғын ҳәм салмақлы болыўы ушын баламның Саған ҳәм Сениң Сөзиңе деген исениминиң күн сайын өсиўи ҳаққында сорайман.
«Бул дүньяның адамларына еликлемеңлер. Ал Қудайдың ой-пикирлериңизди жаңалап, Оның сизлерди толық өзгертиўине жол қойыңлар. Сонда сизлер Қудайдың жақсы ҳәм минсиз еркин, яғный Оған нениң унайтуғынын айырып билесизлер».
«Ҳеш нәрседен тәшиўиш шекпеңлер. Ал ҳәмме нәрсе ушын Қудайға дуўа етип ҳәм жалбарынып, ҳәр бир тилегиңизди Оған шүкирлик пенен билдириңлер. Сонда, ҳәр қандай ақыл-ойдан зыят болған Қудайдың тынышлығы Масих Ийса арқалы кеўиллериңизди ҳәм ой-пикирлериңизди қорғайды».
«Бизлердиң урысымыздың қураллары дүньяға тийисли қураллар емес, ал душпанның беккем қорғанларын қыйрататуғын Қудайдың қүдиретине ийе болған қураллар. Сол қураллар менен сандырақ сөзлерди ҳәм Қудайды билиўге тосқынлық қылатуғын ҳәр қандай менменликти жоқ қыламыз, Масихқа бойсынбайтуғын ҳәр бир ой-пикирди Масихқа тутқын етип бойсындырамыз».
«Гүнакар тәбият басқаратуғын ой-пикирлер өлимге, ал Мухаддес Руўх басқаратуғын ой-пикирлер өмирге ҳәм тынышлыққа еристиреди».
«Сонлықтан мен усыны айтып, сизлерди Ийемиздиң атынан ескертемен: буннан былай, бутқа табыныўшы миллетлердиң адамлары сыяқлы, бос ой-қыялларға берилип жасамаңлар. Олардың сана-сезимлери топырланып, ишиндеги наданлық ҳәм жүреклериндеги қаталлық себепли, Қудайдан берилген өмирге жат болған».
21-бап
Бир күни маған жас өспирим қыз келди, ол жүдә қайғылы еди. Бир саат жылап, оны өзин өлтириў ҳаққында ойға алып барған өзиниң, қайғылы өмири, қорқынышлы қапашылығы ҳаққында маған айтып берди. Мен оны тыңлап болып, бизлер бирге оны езип атырған барлық бахытсызлықлар ҳәм қәўетерлер ҳаққында дуўа еттик ҳәм мен Қудайдан оған «күлдиң орнына… безеўлер, көз жастың орнына жағымлы қуўаныш, муңлы руўхтың орнына жақсы кийим» (Ийшая 61:3-қа қараң), — бериўин сорадым.
Бизлер дуўа етиўди тамамлағанымызда, мен оның жүзиндеги өзгериске таң қалдым. Муңлы ҳәм қайғылы көринис жарқыраған ҳәм тынышланған сулыўлыққа алмасты. Қуўаныш руўхы оның жүрегине кирди ҳәм мениң алдымдағы енди улыўма басқа адам еди. Соннан берли усы қыз гүлленди, оның көп дослары пайда болды.
Бахытқа қарсы, көпшилик жас өспиримлер депрессиядан азап шегеди. Бирақ ҳәммесинен жаманы, ол балаларымызды ересеклик өмиринде де гүзетеди. Ол оларға жақсы жасаўға ҳәм жумыс ислеўге кесент етип, олардың адамлар менен қатнасын буғып, ден саўлығын төменлетип ҳәм олардың Қудай менен қатнасына да тәсир етип келип кетеди.
Бирақ бундай болмаўы керек. Адамның өтмиши қандай болмасын, ол депрессияға түспеўи керек ямаса барлық ўақыт жаман кейпиятта болмаўы керек. Балаңызға қайғы, қапашылыққа түсиўине, аўыр минезли адам болыўына жол қоймаң. Сизиң дуўаларыңыз оны шыпаласын.
Қандай адам өзинде жаман сезимлерди сақлайтуғыны, ал кимниң жүрегинде қуўаныш руўхы патшалық ететуғыны дәрриў көринеди. Әсиресе, бул балаларда көринеди, себеби олар еле үлкенлер сыяқлы өзиниң сезимлерин жасырыўды үйренбеген.
Балаңызға дыққат пенен қараң: оның жүзинде сиз көбинесе қандай көринисти көресиз? Тынышлық, бахыт, қуўаныш көресиз бе? Ямаса қапашылық, қанаатланбаўшылық, руўхы түскенлик, ғәзеп, қайғы ма? Балаңыз ямаса қызыңыз өзиниң қапашылығының себебин түсиндире алмайтуғындай бола ма? Балаңыз ушын түнерген ҳәм қайғылы кейпият әдет болмастан алдын араласың. Жаман сезимлер, егер бизлер олар қуўаныш руўхы менен жеңилиўи ҳаққында дуўаларымыз бенен қарсы шықпасақ, оларды толық бийлеп алады.
Балаңыздың Қудайдан қуўанышқа толыўы ҳаққында дуўаларыңыздың оны басқа адамлардың қайғыларына бийпәрўа қылыўынан ҳеш қашан қорқпаң. Бундай болмайды, себеби Қудайда қуўаныш өмирлик жағдайлардан ғәрезли емес, себеби оның дереги Қудайдың жүзин билиўде ҳәм Оның бизлер мүтәж болған нәрселердиң ҳәммеси екенин түсиниўде.
Мен балаңыз ҳеш қандай жаман сезимлерди ҳәм руўхый аўырыўларды бастан өткермеўи керек деп айтыўды қәлемеймен. Мен жаман сезимлер оларды басқармаўы кереклигин, айтып атырман себеби Ол «Өзиниң халқын қуўанышта, Өзиниң таңлағанларын шадлықта алып шықты…» (Забур 104:43). Сол сыяқлы, егер бизлер Оннан бул ҳаққында сорасақ, Ол бизлердиң балаларымызды да алып шығады.
Егер жаман күшли сезимлер оны шаршата басласа, оны Өзиңниң сүйиспеншилигиң менен қорша. Ол Мухаддес Жазыўдағы: «Ийемиз жаратты бул күнди бизге, шадланып қуўанайық усы күнде» (Забур 117:24), — деген қатарларды еске түсирсин. Баламды қапашылық, депрессия, жалғызлық, кеўил қалыў, ғәзеп ямаса жек көриўшиликтен қутқар. Ол жаман күшли сезимлерге ҳеш қашан берилмесин. Ол өзиниң жүрегинде: «Сонда мен Жаратқан Ийеге шадланаман, мени қутқарғанына қуўанаман» (Забур 34:9), — деп айтсын.
Қудайым, баламның бастан өткерип атырған барлық жаман күшли сезимлериниң Сениң тәлимлериңе қарсы екенин билемен. Баламның жүрегиндеги Өзиңниң Сөзиңди беккемле ҳәм оның исеними ҳәр күни өссин. Оны Өзиңниң сүйиспеншилигиңе исениўге, бүгин ҳәм бәрҳа Сенде қуўаныш таўып, руўхый беккемлениўге үйрет.
«Мен Әкемниң буйрықларын орынлап, Оның сүйиспеншилигине садық болғанымдай, сизлер де егер Мениң буйрықларымды орынласаңлар, Мениң сүйиспеншилигиме садық боласызлар. Буларды сизлерге Мениң қуўанышым сизлерде болыўы ушын ҳәм қуўанышыңыз толы болыўы ушын айттым».
«Ҳақыйқый өмир жолын маған көрсетесең, көз алдыңда қуўанышқа бөлейсең, оң жағыңда мәңги ийгилик бересең».
«Үмиттиң тийкары болған Қудай Мухаддес Руўхтың күши менен үмитке толып тасыўыңыз ушын, кеўиллериңизди исенимиңиз арқалы қуўаныш ҳәм тынышлыққа толтырсын».
«Cебеби Оның ғәзеби тез, Оның мийрим-шәпәәти мәңгиге болар. Көз жасларыңыз бир түн ағар. Бирақ, таңда қуўанышқа толасызлар».
«Уллы шадлықта боларман мен Ийемде, Қудайым менен мениң жүрегим қуўанады. Себеби Ол мени қутқарылыў әдил кийими менен кийиндирди. Күйеў келиншегине таж кийдиргени сыяқлы мени жасандырды».
22-бап
Ҳәммеге бизлердиң сыртқы көринисимиздиң сызықларын ата-анамыздан мийрас етип алатуғынымыз белгили, мысалы, ананың көзлери ямаса әкениң мурны, ямаса кемпир апаның шашының реңи. Бирақ сизлер бизлердиң және ата-аналарымыздың минезиниң айрықшалықларының мийрасхорлары екенимизди билесиз бе, мысалы, жаман минез, қызғаныш, кешириўди билмеў, өзин сүйиў ҳәм менменлик, өтирикке бейимлилик, депрессия сыяқлылар? Усы ҳәм басқа руўхый тамырға ийе сыпатлар ата-аналардан балаларға ҳәм ақлықларға берилиўи мүмкин. Айырым шаңарақлардың тарийхынан бир неше әўладтың бирдей машқалаға дус келетуғынынан көриўге болады, мысалы, шаңарақта беккем қатнасларды қурыўды билмеў, ерли-зайыплылық опасызлық, алкоголизм, нәшебентлик, суицид ямаса депрессияға бейимлилик сыяқлы. Адамлар: «Не ислеў керек, мен усындай болып туўылғанман», — деп ақланыўға ҳәрекет етеди.
Балаларымыздың тәғдирине ата-аналардың тәсир етиўине тийисли Мухаддес Китап Қудай «балаларды әкелериниң гүналары ушын үшинши ҳәм төртинши әўладқа шекем» (Шығыў 20:5-қа қараң) жазалайтуғынын айтады. Бул аятта Қудайды жақсы көрмейтуғын адамлар ҳаққында айтылады. Солай болса да, исениўши ата-аналар да ең аўыр тақылетте олардың балаларында көринбеўи мүмкин болмаған гүна жолын таңлаўы мүмкин.
Мухаддес Китап: «…ким де ким Масих пенен байланысқа ийе болса, ол — жаңа жаратылыс» (Кор. 2-х. 5:17), — деп айтады. Бирақ, бул Ийсаға келип, бизлер гүна ислеўге уқыпсыз боламыз дегенди билдирмейди: бул бизлердиң гүнаның ақыбетинен, яғный, өлимнен азат болғанымызды билдиреди ҳәм бизлерге азғырылыўға қарсы турыўға күш беретуғынын билдиреди. Буған қарамастан, күнде бизлер: усы еркинлик ҳәм күште жасаўды ямаса жасамаўды таңлаймыз.
Мухаддес Китап бизлерге сондай-ақ: «…беккем турыңлар, өзлериңизге қайтадан қуллық мойынтырығын салыўға жол қоймаңлар» (Галат 5:1), — деп айтады. Егер бизлер енди гүнаның қуллығынан азат болсақ, онда не ушын Мухаддес Китап бизлерге усы қәўип ҳаққында ескертеди? Жуўап мынадай: Ийсаның бизлерди азат еткенине қарамай, бизлер таңлаўға ҳәм гүнаға қайтыўға ерклимиз.
Гәп бизлердиң азғырылғанымызда айырым ўақытлары денениң қәлеўлерине берилиўимизде ҳәм ислемеўимиз керек нәрсени ислеўимизде. Жийи бизлер шаңарақтың жаман дәстүрлерин сақлаймыз ҳәм оларды өзлеримиздиң балаларымызға беремиз. Бәрҳа әўладтан берилетуғын физикалық қәсийетлерден айырмашылықлы гүнаға бейимлилик бизлердиң ата-аналарымыздан бойсынып қабыл алыўға миннетли болған мийрас болып табылмайды. Не ушын? Себеби гүнаға бейимлилик өзинде шайтанның өтиригин ҳақыйқат деп қабыл алыўға сөзсиз келисиўди нәзерде тутады. Душпан бизлерге бизлердиң Масихта улыўма жаңа жаратылыс екенимизди ҳәм ата-бабаларымыздың гүналарынан азат емеслигимизди исендириўди қәлейди. Шайтан исениўшини, егер оның әкеси ямаса атасы арақхор ямаса жақтырмаўшы, ҳаялына манипуляция ислейтуғын, ямаса жақынларының үстинен күлетуғын ямаса жалатай болған болса, онда ол да сондай болатуғынына, себеби усы жаман қәсийетлер оның туқымнан-туқымға өтетуғын белги екенине исендиреди. Бирақ ҳақыйқатында бизлер егер қәлесек, шаңарақтың гүналы дәстүри менен байланысты дуўа етиў ҳәм Мухаддес Руўхтың күши менен үзе аламыз. Ал егер бизлер кемшиликлеримиздиң балаларымызда айнадағы сыяқлы сәўлеленетуғынын көрсек, онда бизлердиң ўазыйпамыз олардың жаман мийрастан азат болыўы ҳаққында дуўа етиў.
«Егер Қудай бизлерди Өзиниң мийрими менен қутқарған, ал Мухаддес Руўх бизлерди тазалап ҳәм жаңарытқан болса ҳәм бизлер Ийсаның қаны менен ақланған болсақ, онда не ушын мен еле гүнаны жеңе алмайман?» — деп мен өзимниң руўхый устазымнан бир неше жыл алдын сорадым: «Бул еки себеп бойынша болады: я гүна тәўбе етилмеген, я сиз оны билип турып иследиңиз», — деп жуўап берди ол. «Мен ҳәзирге шекем шаңарағымның айырым ағзаларын өзим менен қашанлардур болған нәрсе ушын кешире алмайман. Бирақ мен бул гүнаны мойынладым ҳәм оған өкиндим. Не ушын мен оны улыўма жеңе алмайман?», — дедим мен.
«Сизиң анаңыз кешириўди билмейтуғын адам болды, солай ма?», — деп сорады устаз. «Аўа, бул солай. Оның шаңарақтың дерлик барлық ағзаларына өкпеси бар еди. Соның ушын ол ҳәммесинен узақласты. Сол себептен оның дослары да болмады? Ол ең кишкене қылмысларды да кешириўди қәлемегени ушын ҳәммесин өзинен узақластырды». «Сиз қашан болса да анаңыздан усы — кешириўди билмеў қәсийетин мийрас ете алыўыңыз мүмкинлигин ҳәм ол сизиң минезиңиздиң белгиси болғанын ойлап көрдиңиз бе? Балалар ата-аналарының қәсийетлерин мийрас етеди», — деп айтты ол.
Мен өзимниң ҳәрекетлеримди тек анық мәнис басқара алады деп ҳеш ўақытта ойламаған едим. Мениң шешимлериме ҳәм кешириўди үйрене алмаўыма бир нәрсе тәсир етиўин даўам етти. Мен бул ҳаққында қаншелли көп ойласам, соншелли жийи ата-аналарымның кекшил болған ўақыттағы ўақыялары есиме түсетуғын еди. Дерлик барлық шаңарақлар өзлериниң тарийхының қандай да басқышында жаўызлық ўақыясына дус болады ҳәм туўысқанлық байланыстың үзилиўине жол қоймаў ушын көбинесе оларды көрмеўге ҳәрекет етеди.
«Мен буның өзимди ақламайтуғынын билемен, бирақ мен шаңарақ ағзаларымның қандай кекшил екенин көремен, олар бир-бирин кешириўди билмейди. Бирақ ҳәммесинен көбирек мен усы белгини балаларым мийрас етиўинен қорқаман. Мен олардың қандай да қылмысларын бир-бирине көбинесе кеширмейтуғынын көремен. Мени өзим ҳәм күйеўим усы өмирден кеткенимизден кейин балаларымыз бир-бирине жат болады деген ой қорқытады. Мен балаларым ушын усы гүнадан азат болыўым кереклигин түсинемен», — деп мойынладым.
Сол күни бизлер устазым менен бирге кешириўди билмеў гүнасы бизлердиң шаңарақлық белгимиз сыпатында әўладтан әўладқа берилмеўин, ал Мухаддес Руўхтың күши менен тоқтатылыўы ҳаққында дуўа еттик. Мен Мухаддес Жазыўдан өзимниң Масихта жаңа жаратылыс екеним ҳәм өтмиштеги гүналы дәстүрлер ҳәм әдетлерге келисип жасамаўым кереклиги айтылатуғын аятты айттым. Бул мен ушын ашылыс болды ҳәм мен кешириўди қәлемеўимди ол пайда болған сол ўақытта, егер керек болса саат сайын мойынлаўға шешим қабылладым.
Тәўбе етип, дуўа етип, өкинип кешириўди билмеў гүнасынан қаншелли көп азат болған сайын, мен балаларымның азат болыўы қалай исленип атырғанын соншелли анық көрдим, себеби олардың қарым-қатнасы көринетуғындай жақсыланды. Әлбетте, олардың кешириўди қәлеўи тек маған емес, ал олардың өзлерине де байланыслы. Кешириў ямаса кеширмеў — бул олардың өзлериниң шешими. Бирақ, олар өзлериниң алдында кешириўди билиў үлгисин көрсе, оларды дурыс шешим қабыл етиўге алып барады.
Ата-аналарда баланың минезин өзгертиўге ең тәсирли усыл бар — өзиниң минезин өзгертиўди баслаў, өзиндеги гүнаны мойынлаў менен басланған ҳәммесинен жақсырақ. Егер гүна ўақты — ўақты исленсе, онда жүдә тез арада ол өзиниң орнын беккемлейди. Мысалы, өтирик — гүна. Қайталанған өтирик келеси өтирикке жол ашады ҳәм тез арада жағдай улыўма басқарыўдан шығады. Ямаса және бир мысал: өлиўди қәлеў де гүна. Адам: «Мен өлиўди қәлеймен», — деген гәпти қайталаған ўақытта, тез арада оған өзин өлтириў ҳаққында ой ере баслаған болып шығады.
Егер сиз гүна ислегениңизди ямаса Қудайдың жолынан шыққаныңызды түсинсеңиз, онда Қудайдың алдында тез тәўбе етиң, Оған өзиңиздиң гүнаңызды ашың ҳәм: «Қудайым, мен Сениң басқарыўыңды соранаман, маған өмиримди өзгертиўге жәрдем бер», — деп айтып, өзиңизди кешириўин сораң.
Кейин өзиңиздиң ҳәм балаларыңыздың үстинен бийликке ийе болған ата-аналарыңыздың ҳәм олардың ата-аналарының гүнасын атаң ҳәм бул ҳаққында дуўа етиң. Мухаддес Китап: «Мухаддес Руўхтың Өзи бизлердиң руўхымыз бенен бирликте Қудайдың балалары екенлигимиз ҳаққында гүўалық береди. Егер бизлер Қудайдың балалары болсақ, онда мийрасқа ийе боламыз. Масих пенен бирге уллыланыў ушын, Оның менен бирге азап шексек, онда бизлер Масих пенен бирге мийрасқа шерик болған Қудайдың мийрасхорларымыз» (Рим 8:16-17), — деп айтады. Бизлер шаңарақтың гүналарының емес, ал Қудайдың мийрасхорлары болғымыз келеди. Ийса Масихтың атына бизлер шаңарақтың ҳәр қандай гүнасынан азат бола аламыз ҳәм Мухаддес Руўхтың күши менен оны балаларымыздың өмирине киргизбеўимиз мүмкин. Егер сиз шаңарағыңыздағы жоқары әўладының гүналарынан сизиң балаларыңыздың азап шегиўин қәлемесеңиз, ҳәзирдиң өзинде дуўа етиўди баслаң.
Ийса бизлерге: «Минекей, Мен сизлерге жыланлар менен шаянларды аяқ асты қылып, душанның пүткил күш-қүдиретин жеңиўге бийлик бердим. Сизлерге ҳеш нәрсе зыянын тийгизе алмайды» (Лука 10:19), — деп айтты. Егер шайтан мениң өмиримде бар гүнаны ислеўге балам (баланың аты) мәжбүр етиўди қәлесе, мен Ийса Масихта өзиме берилген күш ҳәм бийлик пенен оның жобаларын бузаман. Әсиресе мен (балаңызды сақлаўды қәлеген шаңарақ ағзаларыңызға тән кемшиликтиң аты) ҳаққында соранаман. Қудайым, мен Сеннен болмаған ҳәмме нәрседен бас тартаман.
Бизлерди өтмишимиздеги гүнамыздан азат етиўге келгениң ушын Ийса Саған миннетдарман. Бизлер олардан ғәрезли болыўдан бас тартамыз. Аспандағы Әке «…бизлерди нурдағы мухаддеслердиң мийрасына шерик болыўға…» (Кол. 1:12-қа қараң) шақырғаның ушын Саған миннетдарман, Сен бизлерди қараңғылықтың бийлигинен азат еттиң. Балам (қызым) өзиниң туўысқанларынан минездиң жаман белгилерин мийрас етпеўи, ал Сениң: «…Әкемнен жарылқанғанлар, дүнья жаратылғаннан бери сизлер ушын таярлап қойылған Патшалықты мийрас етип алыңлар» (Матта 25:34), — деген буйрығың бойынша ислеўин соранаман. Ийса Сенде өтмиш тамамланып ҳәм жаңа өмир басланатуғыны ушын Саған миннетдарман.
«Масих бизлерди еркин өмир сүриўимиз ушын азат қылды. Сонлықтан, беккем турыңлар, өзлериңизге қайтадан қуллық мойынтырығын салыўға жол қоймаңлар».
«Ийемиз Ийса Масихтың Әкеси — Қудайға алғыслар болсын! Себеби Ол Өзиниң шексиз мийрим-шәпәәти менен бизлерди жаңадан туўылдырды. Сонлықтан, Ийса Масихтың өлимнен тирилиўи арқалы бизлерге жоғалмайтуғын үмит берди ҳәм ширимейтуғын, пәк ҳәм ескирмейтуғын бир мийрасқа еристирди. Усы мийрас сизлер ушын аспанда сақлаўлы тур. Заманның ақырында аян болыўға таяр турған қутқарылыўға ерисиўиңиз ушын, сизлер исенимиңиз арқалы Қудайдың қүдирети менен қорғалмақтасыз».
«Қудай Ийениң Руўхы Мениң үстимдедур. Өйткени Ол Мени жарлыларға Хош Хабарды жеткериўим ушын, жүреги езилгенлерге жубаныш бериўим ушын, тутқынларға азатлықты, зиндандағыларға қутқарылыўды ўаз етиўим ушын, Мени майлады».
«Солай етип, ким де ким Масих пенен байланысқа ийе болса, ол — жаңа жаратылыс. Ески нәрселер өтип кетти, минекей, енди ҳәммеси жаңа болды».
«Себеби бир ўақытлары бизлер де ақылсыз, қулақ аспайтуғын, адасқан, ҳәр түрли жаман ҳәўеслер менен ҳәзликлердиң қулы болған, жаманлық ҳәм күншиллик пенен жасаған, басқалар бизлерди ҳәм бизлер де бир-биримизди жек көрген адамлар едик. Бирақ, Қутқарыўшымыз Қудай Өз мийримин ҳәм адамға деген сүйиспеншилигин ашық көрсеткенде, Ол бизлерди қылған ҳақ ислеримиз себепли емес, ал Өз мийрим-шәпәәти менен қутқарды. Бизлерди Мухаддес Руўхы арқалы гүнадан тазалап, қайтадан туўылдырды ҳәм жаңалады. Оның мийрими менен ақланып, өзлеримиз үмит еткен мәңгилик өмирдиң мийрасхорлары болыўымыз ушын, Ол Мухаддес Руўхын Қутқарыўшымыз Ийса Масих арқалы мол-мол етип жаўдырды».
23-бап
Шайтан балаларымызды аўлайды ҳәм оларды бизлерден урлаў ушын ҳәмме нәрсени ислейди. Алкоголь, нәшебентлик ҳәм ғәрезлиликтиң басқа түрлери — мине оларды өзи көрсетпейтуғынындай соншелли күшли. Бахтымызға, бизлерде оларға қарсы турыўға жәрдем беретуғын бизлердиң қоллаўымыз, дуўамыз ҳәм мәсләҳәтлеримиз бар. Бир тәрептен, балалардың келешеги, оларға алкоголь ҳәм нәшебентлик қумарлығы тиймеўи ушын дуўа етиўди баслаўға ҳеш ўақытта ерте емес, себеби усы қақпанға ерте жаста болса да түсиў жүдә аңсат. Басқа тәрептен, усы мүтәжликлер ушын дуўа етиўди баслаў ҳеш ўақытта кеш емес, себеби адам өмириниң қәлеген басқышында азғырылыўға түсиўи мүмкин. Мен елиў жасқа толғанда арақхор болған бир ер адамды билемен. Ол спиртли ишимликке қумарлығы бар екенинен ҳеш ўақытта бас тартпайтуғын еди, бирақ ол бир күни күшли ишимликлер берилген отырыспақта боламан дегенше усы ҳәлсизликке берилмеген еди. Ол азырақ ишти, ал үйине келгеннен кейин тоқтай алмады. Бәлким, ол ушын соранатуғын оның дуўа етиўши анасы ямаса дуўа етиўши әкеси, ямаса дуўа етиў топарында дослары болғанда ҳеш қашан бундай болмаған болар ма еди.
Мен Қудайды алғыслайтуғын масихый сазенделердиң азғырылыўға берилгенин ҳәм алкоголик ҳәм нәшебент болғанын өзим көрдим. Усындай адамлар руўхый гүрестиң алдыңғы шегарасында турады ҳәм душпаннан жеңилген болып шықпағанша көбинесе қәўипти көрмейди. Олар өзинен шайтан ушын жеңил олжаны көрсетеди ҳәм олардың өмири тек дуўа етиў менен қорғалмағаны себепли ғана оның торларына тез түседи. Олардың айырымлары гүнаның жолына өз ерки менен түсетуғынын тән алыў керек болса да, бәрибир олардың көпшилиги әдил өмир сүриўди қәлейди. Усы апаттың себебин денениң даўысы ҳәм шайтанның топылыслары ҳақыйқатында бизлер ойлағанымызға қарағанда күшлирек екенинен излеўимиз керек. Ҳәр биримизде болатуғын ҳәлсизлик ўақытларында, адам ойлай алмайтуғын қылмысты ислеўи мүмкин. Тек дуўа етиў арқалы ҳәрекет ететуғын Қудайдың күши ҳәммесин өзгерте алады.
Егер балаңызда ямаса қызыңызда усындай машқала әлле қашан бар болса, егер шайтан олардың өмиринде өзине қандай да орынды басып алған болса, Қудайда ким екениңизди билип, екиленбестен оның менен урысқа түсиң ҳәм жойтылғанды қайтарың. Сизиң балаларыңыз шайтанға емес, ал сизге тийисли ҳәм сиз олар ушын Қудайдың тахтының алдында сорана аласыз. Сизде күш ҳәм бийлик бар. Шайтанда болса олар жоқ. Оның усыллары белгили: өтирик ҳәм алдаў. Өмириңизде, балаңыздың өмирин қосып ҳәмме нәрсениң Ийеси болған Қутқарыўшыңыз Ийса Масихтан алған күш пенен шайтанның өтиригин әшкаралаң.
Мухаддес Китап: «…жесеңиз де, ишсеңиз де, не нәрсени ислесеңиз де, ҳәмме нәрсени Қудайдың даңққа бөлениўи ушын ислеңлер» (Кор. 1-х. 10:31), — деп айтады. Келиң, балаларымыз өзлерине ғамхорлық етиўи ҳәм олардың барлық қылмыслары Қудайды алғыслаўды қәлеў менен дәлиллениўи ушын дуўа етейик.
Қудайым, мен Сеннен өтинемен: баламды алкаголь ямаса нәшебентликке үйретип, набыт етиўге ҳәрекет етип атырған шайтанның барлық жобаларын буз ҳәм балам (қызым) оларға ҳеш қандай қызығыўшылық сезбесин. Сениң Сөзиңде: «Сондай жол бар, адамға туўры болып көринеди, бирақ ақыры өлимге алып барады» (Нақ. мақ. 16:25), — деп айтылған. Оған өтирикти билиўди үйрет ҳәм оған өлим алып келетуғын ҳәмме нәрсеге «яқ» ҳәм Қудайдан болған ҳәм өмир алып келетуғын ҳәмме нәрсеге «аўа» деп айтыўға күш бер. Оны қәлеген азғырылыўда ҳақыйқатты көриўге үйрет ҳәм жаўызлықтан ҳәм шайтанның қойған торларынан қорға. Ол бәрҳа өмирди таңласын ҳәм бул дүньядағы ҳәмме нәрсе тек Сеннен ғәрезли екенин түсинсин.
Ийсаның атынан мен балам өз денесин Сениң даңқың ушын тазалықта сақлаўы ҳаққында соранаман.
«Өйткени егер гүнакар тәбиятыңыздың жетелеўи менен жүрсеңиз, өлесиз. Ал гүнакар тәбиятыңыздың жаман ислеринен Мухаддес Руўхтың күши менен толық ўаз кешсеңиз, жасайсыз».
«Қайғыны жүрегиңнен шығарып тасла, жаўызлықты өз денеңнен узақластыр. Өйткени балалықта, жаслық та мәниссиздур».
«Сизлердиң алдыңызға өмир ҳәм өлимди, берекетҳәм ләнетти қойғаныма, бүгин, жер ҳәм аспанды сизлерге қарсы гүўа етип қояман. Өмирди таңлаңлар, сонда сизлерде, балаларыңыз да жасайсызлар».
«Әдилдиң әдиллиги жубаныш береди, сатқын болса жаман нийетлери себепли тутылады».
«Сонлықтан, егер Ул сизлерди азат қылса, ҳақыйқаттан азат боласызлар».
24-бап
Бизлердиң балаларымызды аңлып жүретуғын ең қорқынышлы бахытсызлықлардың — қәўипли жарақатлар, өлим ҳәм мәңгилик дозақтың қатарында — жынысый қатнас гүнасы турыпты. Не ушын? Себеби оның ақыбетлери өзи ҳаққында ата-аналардың ҳәм балалардың пүткил өмири даўамында билдиреди. «Аборт», «некеден тысқары жынысый қатнас», «неке ҳадаллығын бузыў», «гомосексуализм», «тери кеселликлери», «СПИД» — мине қәлеген ата-ананың қорқыныштан жүреги суўлайтуғын машқалалар жыйнағы. Ал бүгинги күнде бул ҳақыйқаттан да өмир ҳәм өлим машқаласына айланды. Жынысый қатнаслық бузықшылықтың изсиз өтпейтуғыны ҳәммеге белгили. Бирақ бизлерди балаларымыздың тек физикалық ден саўлығы тәшўишлендирмейди. Мухаддес Китап «…жаныңызға ҳәр қашан қарсы туратуғын денениң жаман қәлеўлеринен қашыңлар» (Петр. 1-х. 2:11), — деп шақырады. Жынысый қатнас гүнасының ақыбети жанды набыт етеди.
Бул машқала ҳаққында мен балам ҳәм қызым жүдә кишкене ўақтынан дуўа етиўди басладым ҳәм бүгинги күни де бул ҳаққында тынбай дуўа етиўди даўам етип атырман. Мен балаларымның СПИДтен өлиўин ямаса Кристофер ҳәм Аманда нызамлы некеге түспестен алдын ақлықларым пайда болыўын қәлемеймен. Буннан тысқары, мен олардың Қудайды тыңламаўын ҳәм өзлериниң арналыўын орынламаўын қәлемеймен. Мен денениң қәлеўлерин қанаатландырыў ушын адам Қудайдың барлығынан, тынышлығынан, жарылқаўынан ҳәм қуўанышынан бас тарта алатуғынын билемен. Буның қуны жүдә үлкен.
Баланы Қудайдың жолларына үйретпеўге болмайтуғыны сыяқлы, бала жас өспирим болған ўақытқа шекем дуўа етиў ушын күтиў ямаса кейинге қалдырыўға болмайды. Дуўа етиўди ҳәзирдиң өзинде баслаў керек. Бүгинги күнде душпанның торына түсиў айрықша жеңил: балаларыңыздың изинен ҳәмме жерде ашық афишалар, кинодағы ҳәм дағазалардағы сахналар, журналлардағы ашық сүўретлер жүреди. Баланың жаны турақлы бораған оқтың астында болады ҳәм бизлер азғырылыў оларды шетлеп өтеди деп ойлап, алданамыз. Балалар ата-аналарының өтиниш дуўаларына мүтәж. Егер балаңыз ямаса қызыңыз гүнаның набыт етиўши тәсири астына әлле қашан түскен болса да, гүнаны мойынлап ҳәм тәўбе етиўге, кеширим алып ҳәм шыпаланыўға ҳеш ўақытта кеш емес.
Мухаддес Китап: «Ким өзине үмит етсе, ол ақмақ, Ал ким даналық пенен жүрсе, ол аман болады» (Нақ. мақ. 28:26), — деп айтады. Бизлер балаларымыз өзлериниң турақлы сезимлерине емес, ал Қудайға исениўи ушын, олар даналықта жүрип ҳәм қәўипли қақпанлардан қашыўы ушын, олар Қудайдың ўәсиятлары буйыратуғынындай ислеўи ушын дуўа етиўимиз керек.
Жынысый өмирдиң тазалығы — үйрениўди ерте жастан баслаў керек болған Қудайдың жолларының бири. Балаңыздың неше жаста екениниң — ол нәресте ме ямаса жас өспирим бе ямаса ол әлле қашан отызда ма, ол абырайлы жигит ямаса әлле қашан жынысый қатнас тәжирийбесине ийе ме әҳмийети жоқ, — бәрибир оның жынысый өмириниң ҳәзир ҳәм бәрҳа таза болыўы ҳаққында дуўа етиң.
Мен баламның (қызымның) өмиринде некеден алдын жынысый қатнас ҳәм күйеўинен басқа ҳеш ким менен жынысый қатнаста болмаўын, гомосексуализм оған ҳеш қашан тиймеўин соранаман. Баламды жаман нийетли адам менен қатнастан қорға ямаса усындай адамды оның өмиринен қуў. Оны түрли зорлықтан сақла. Оның көзин усы пүткил дүньяға сиңген бузықшылық руўхынан сақла ҳәм ол Сениң: «…Дүньяның досты болыўды қәлеген адам өзин Қудайға душпан қылады» (Яқып 4:4), — деген алдын алыўыңды билсин. Ол бәрҳа Саған унаўға талпынсын ҳәм неке ҳадаллығын бузыў гүнасын ҳеш қашан ислемесин. Оның жанын дене қумарлығынан қутқар. Мухаддес Руўх қәўип жағдайында қосылатуғын сигнал қоңыраўына уқсап баламды өзиниң жүрис-турысында Сениң көз алдыңда рухсат етилген шегараға жақынлағаны ҳаққында ескертсин.
Сениң Сөзиңде: «Сынаўға шыдаған адам бахытлы! Өйткени ол сынаўдан өткеннен соң, Қудайдың Өзин сүйетуғынларға ўәде еткен өмир тажын алады» (Яқып 1:12), — деп айтылған. Баламды азғырып атырғанда оған жәрдем бер ҳәм оған ҳақыйқатта беккем турыўға ҳәм дене қәлеўлерине «яқ» деп айтыўға күш бер. Оны беккемле ҳәм ақырында мәңгилик өмир тажын алыўы ушын әдил өмир сүриўге үйрет.
«Қудайдың ерки — сизлердиң мухаддес болыўыңыздан ибарат. Яғный, Ол сизлердиң жынысый бузықшылықтан аўлақ жүриўиңизди, ҳәр бириңиздиң өз денесин қәдирлеп, мухаддес қылып сақлаўын…»
«Бузықшылықтан аўлақ болыңлар! Адамның ислейтуғын басқа барлық гүналары денесиниң сыртында исленеди. Ал бузықшылық ислеген адам өз денесине қарсы гүна ислейди».
«„Аўқат қарын ушын, ал қарын аўқат ушын жаратылған“, — дейсизлер. Деген менен, Қудай екеўин де жоқ қылады. Бирақ, дене бузықшылық ушын емес, ал Ийемиз ушын жаратылған. Ийемиз де денемизге ғамхорлық қылады».
«Сизлердиң басыңызға ҳәмме адамлардың басына түсетуғын сынақлардан басқа сынақлар түскен жоқ. Қудай садық, Ол күшиңизден артық сынақларға түсиўиңизге жол қоймайды. Сынақларға шыдаўыңыз ушын, Ол сынақлар менен бирликте олардан шығыў жолын да береди».
«Бирақ ҳәр ким өзиниң жаман қәлеўлерине берилип, алданып азғырылады. Кейин сол қәлеў ҳәмледар болып, гүнаны туўады. Ал гүна жетилисип, өлимди туўады».
25-бап
Балаларымыз туўылғаннан кейин тез арада мен олардың келешектеги өмирлик жолдаслары ҳаққында дуўа етиўди басладым. Мен бүгин де бул ҳаққында дуўа етемен ҳәм олардың неке тойы болатуғын күнине шекем дуўа етемен. Усының менен бирге мен оларда ажырасыў қәлеўи ҳеш ўақытта пайда болмаўы ушын дуўа етемен. Бәлким, кимге болса да бул дуўа етиўлер ўақтынан бурын болып көриниўи мүмкин, бирақ бул ондай емес. Ийсаны жүрегине қабыл етиў шешиминен кейин үйлениў ямаса турмысқа шығыў шешими балаларыңыз ушын ең әҳмийетли болып табылады, себеби тап сол, усы қәдемниң олардың шаңарақ ағзаларының өмирине тәсири ҳаққында айтпағанда, олардың кейинги пүткил өмирин белгилейди. Надурыс шешим барлық жақынларына аўырық келтириўи мүмкин. Балаңыз ушын жақсырақ өмирлик жолдас ким болатуғынын тек Қудай билетуғын болғанлықтан, онда, сөзсиз, усы мәселе бойынша жақсырақ мәсләҳәтши тек Ол бола алады ҳәм тек Оның пикири дурыс ҳәм ақырғы бола алады.
Мен әўметсиз некелерди, өмирлик жолдасының турпайылығын, некелик опасызлықты, қайталанған некелерди бастан өткерген, жүдә кеш неке қурған (бала туўылыўы ушын) ямаса жалғызлықтан қыйналып атырған танысларым ҳаққында ойлағанымда, мен олардың биреўиниң де келешектеги өмирлик жолдасы ҳәм олардың шаңарағы ушын дуўа ететуғын ата-аналары болмаған деген шешимге келемен. Басқа тәрептен, мен некелерин идеал деп атаўға болатуғын ҳәм жоқарыда санап өтилген бахытсызлықлардың биреўине де тиймеген жубайларды билемен. Бунда таң қалатуғын ҳеш нәрсе жоқ, себеби қашанлардур олар ушын ата-аналары дуўа еткенин ямаса олардың өзлери келешектеги өмирлик жолдасы ушын Қудай мақуллаған, дурыс шешим қабыл еткенине исенимде боламан дегенше өзлери дуўа еткен. Бул қарама-қарсы жыныс пенен қатнасында жеңил ойлы болмаған, Қудайдың бузықшылықтан бас тартыў ўәсиятын итибарсыз қалдырмаған адамлар. Олар өзлери ушын Қудайдың таярлап қойған келешектеги өмирлик жолдасы ушын өзлерин таза сақлады ҳәм мол жарылқанды.
Мениң гүзетиўлерим ҳәм жеке тәжирийбем егер, әлбетте, бизлер бул ҳаққында Өзиниң бийлиги менен екеўин мәңгиге қосатуғын Биреўге дуўа етсек, некелик байланыслардың аспанда қурылатуғынына мени исендиреди.
Салтанатлы тойлар бахытлы некеге кепил бола алмайды. Оны бериўге тек Қудай күшли. Мухаддес Китап: «Адамның жүрегинде нийет көп, бирақ тек Ийемиздиң айтқаны әмелге асады» (Нақ. мақ. 19:21), — деп айтады. Күйеў менен келиншекти дурыс жолға шаңарақ ҳәм неке сораўлары бойынша мәсләҳәтшилер емес, ал Қудай Ийемиз күйеў ҳәм келешектеги дурыс жолға бағытлайды. Жас ерли-зайыплылар тек егер мәсләҳәт сорап Қудайға мүрәжат етсе ҳәм Оның ўәсиятларының изинен жүрсе бахытқа ерисе алады. Ал бизлердиң дуўаларымыз балаларымызды Қудайды излеў жолында тастыйықлайды ҳәм олардың өзлериниң сезимлер ҳәм қәлеўлери бойынша жүриўине жол қоймайды.
Мухаддес Руўх некени беккемлейди; ажырасыў руўхы оны бузады. Қудайдың Руўхы балаларымызды бағытлаўы ҳәм олардың келешегин белгилеўи ҳаққында дуўа етиўимиз керек.
Егер балаңыз ямаса қызыңыз әлле қашан некеде болса, ерли-зайыплылардың «бир ой ҳәм бир мақсет пенен бирлесиўи» (Коринф 1-хаты 1:10) ушын дуўа етиң, себеби «…өз-ара қарсы болып бөлинген ҳәр бир қала ямаса үй қулайды» (Матта 12:25-қа қараң). Олардың үйинде олардың қатнасына «сына қағыўға» уқыплы ажырасыў руўхы болмаўы ушын дуўа етиң. Егер балаңыз ямаса қызыңыз әлле қашан ажырасыўда болса, бузылған ҳәмме нәрсе тиклениўи ушын ҳәм олардың өмиринде ажырасыў ҳаққында ойға енди орын болмаўы ушын дуўа етиң.
Балаңыздың жасынан ғәрезсиз оның некеси ҳаққында дуўа етиң. Ажырасыў өмирдиң ана я мына дәўиринде әдетли ис ҳәм ҳәмме ушын қәўип көрсетеди. Келиң, оған бирге қарсы турайық ҳәм өзлеримизди ҳәм балаларымызды Қудайдың Улы Ийса Масихтың Мухаддес Руўхының күши менен қорғайық.
Баламның зайыбы болыў жазылған адам жақсы ҳәм Сениң ўәсиятларыңа еретуғын болсын. Ол баламды бахытлы қылсын; балама (қызыма) әпиўайы сүйиспеншилик пенен өзи ушын белгилеп қойғаныңа сүйиспеншиликтиң арасындағы айырмашылықты көриўине жәрдем бер. Егер ол неке қурыўы керек емес адамға қызыққан болса, Қудайым, Сеннен өтинемен бул қатнасларды буз. Егер орайда Сен болмасаң, ҳеш қандай неке тигине тура алмайтуғынын түсиниўге жәрдем бер. Егер Сен некелик байланысты жарылқамасаң, ҳеш қим оны жарылқамайды, себеби Сениң Сөзиңде: «үйди Жаратқан Ийе қурмаса, қурыўшылар бийкарға мийнет етер» (Забур 126:1), — деп айтылған. Мен Сеннен өтинемен: бахытлы шаңарақтың тийкары болатуғын некени қур.
Балам (қызым) өзиниң таңлаўын ислеп ҳәм өзин неке байланысы менен байлаўды шешкен ўақытта, Қудайым, баламның (қызымның) таңлаған Сениң адамың, Сениң садық қулың, Сени сүйиўши ҳәм маған қыз (ямаса бала) болыўы мүмкин болған Сениң жолларыңнан жүретуғын ҳәм пүткил шаңарақ ушын жарылқаў болыўын мен Сеннен өтинемен. Баламның некеси өмириндеги жалғызы болсын. Оның некелик өмиринде я ақыл, я руўхый, я физикалық зорлыққа орын болмасын, бирақ оның шаңарағы бөлиниў руўхына ғәрезли емес ақыл, руўхый ҳәм физикалық бирликке бириккен болсын. Мен ерли-зайыплыларды урыстырыўға ҳәрекет ететуғын ажырасыў, тартыс, өзинен кешиў руўхынан балам (қызым) азат болыўын соранаман. Олардың ҳәр бирине неке садықлығын сақлаўға күшли қәлеў сал ҳәм оны бузыўды қәлейтуғын ҳәммесин алып тасла.
Баламның таңлағаны өмириниң ақырына шекем оның жалғыз зайыбы ҳәм садық досты болсын. Олардың қатнасларында өмириниң ақырына шекем бир-бирине деген садықлық, жыллылық, түсиниў, кеширим, өз-ара қоллаў, ғамхорлық ҳәм сүйиспеншилик патшалық етсин.
«Бирақ жаратылыстың басында, Қудай адамларды еркек ҳәм ҳаял қылып жаратқан. Сонлықтан, ер адам ата-анасын қалдырып, өз ҳаялына қосылады ҳәм екеўи бир дене болады. Солай етип, олар енди еки емес, ал бир дене болады. Сол себепли, Қудай қосқанларды адам ажыратпасын, — деди».
«Ҳәммеңиз некеге ҳүрмет пенен қараңлар. Некеңиздиң төсеги гүна менен былғанбасын. Себеби Қудай бузықшылық ислегенлерди ҳәм неке ҳадаллығын бузғанларды ҳүким етеди».
«Ийса оларға: – Ким де ким өз ҳаялы менен ажырасып, басқа ҳаял алса, ол ҳаялына болған неке ҳадаллығын бузған болады».
«Қатын тапқан бахыт таўып, Ийемиздиң жарылқаўына ийе болады».
«Басқа да исленген бир исиңиз бар: сизлер Ийениң қурбанлық шалынатуғын орнын көз жаслар менен жуўдыңлар. Дад салып, жылап атырсызлар. Себеби Ийе алып келген қурбанлықларыңызға артық итибар бермей қойды. Сизлер: «не ушын?»-деп сорайсызлар. Себеби Жаратқан Ийе сен ҳәм жас изиңнен киятырған ҳаялың арасында гүўа. Өйткениол өмирлик жолдасың, яғный некели ҳаялың болса да сен оған қыянет еттиң. Жаратқан Ийе сизлерди бир дене ҳәм руўх етип жаратпадыма? Не ушын бир қылды? Себеби Ол Өзине сай бир нәсил излеп атыр еди. Соның ушын абайлы болыңлар, ҳеш бириңиз жас изиңизден киятырған ҳаялыңызға қыянет етпеңлер. Израилдың Қудай Ийеси: «Мен ажырасыў дегеннен жеркенемен»-деди: Және де: «Мен адамлардың зорлықты өзине кийим етип алғанын жек көремен» — деди Қүдиретли Ийе. Соның ушын абайлы болыңлар ҳәм қыянет етпеңлер».
26-бап
Маған балаларым алдында бир нәрсе ушын кеширим сораўға туўра келсе, мен олардан: «Мен сени кеширдим», — деген жуўапты бәрҳа күтетуғынымды айтаман. Мен олардан усы сөзлерди айтыўын оған қатты мүтәж болғаным себепли емес, ал буған олардың кешириўди билмеўден толық азат болыўға мүтәжлиги себепли сорайман. Сол сыяқлы, балаларым урысып, ал кейин жарасқан ўақытта мен олардан бир-бирине: «Мен сени кеширдим», — деп айтыўын сорайман. Егер олар сол ўақытта бир-бирине еле ғәзепте болса да, мен бул сөзлердиң олардың жанына тәсир ететуғынын билемен. Әлбетте, егер «мен сени кеширдим» деген сөзлер оның жүрегинен шықса жақсы болар еди, бирақ егер оларда еле шын кеўиллилик жоқ болса, улыўма ҳеш нәрсе айтпай, ал тек кешириўди қәлеўдиң өз-өзинен келиўин күтиўдиң орнына, бәрибир оларды айтқан жақсы.
«Кешириў — бул сизиң таңлаўыңыз. Басқаларды кеширмей, сизлер өмириңизге ана ямаса мына түрде өлимниң кириўине жол қоясыз. Адамды кешириў ушын оған дуўа етиўди баслаў ҳәммесинен жақсырақ. Алдын бул жеңил болмай-ақ қойсын, бирақ, кешириўди шешип ҳәм кешириўди баслап, бизлер дуўаларымызға мүтәж болған және де көбирек машқаланы көре баслаймыз ҳәм жүрегимиз кеўлимизге тийген адамға көбирек мейил болады», — деп мен Кристофер ҳәм Амандаға түсиндиремен.
Мен басқалардан кеширимди күтетуғын көплеген шаңарақларды билемен. Олар кешириўди қәлемейди; олар өзлериниң қашан кешириўди қәлейтуғынын күтеди. Нәтийжеде усындай шаңарақ ағзаларының арасында қарсылық пайда болады ҳәм сақланып қалады; олар бир-бири ҳаққында жаман гәплер айтады, ал айырым ўақытлары жыллар бойы қатнаспайды. Бир-бириниң кеўлине қараўшылық ҳәм жыллы сезимлердиң жоқлығынан олардың барлық сөзлери ҳәм ислери ҳәрекеттиң еркинлиги берилген жаўызлық руўхына сиңген. Шаңарақтың айырым ағзалары кекшил болғанлықтан, пүткил шаңарақ азап шегеди.
Бала тек ата-анасын ҳүрмет етип қоймастан (бул ушын оған пүткил өмири жарылқанған болыўы ўәде етилген), ал оларды өзи менен, бәлким, аўыр ақыбетлер алып келген қәте ҳәм алжасыўлары ушын кешириўи керек шығар. Олар әжапаларын ҳәм әжағаларын, жеңгесин ҳәм дайысын, кемпир апасын ҳәм атасын, досларын ҳәм душпанларын ҳәм өзин өзи кешириўи керек, буның бәринде бизлер оларды қоллаўға миннетлимиз. Егер бизлер балаларымызға кешириўди үйретпесек, бизлер олардың өмирине жаўызлықтың ҳәм келешектеги апатлардың тырнағын қалаған боламыз.
Балаларымыз өз жүреклерин жибите алыўы ушын, бизлер оларды тек ғана кешириў ҳәм дуўа етиўге үйретпеўимиз керек. Егер бизлер олардың адамларды сүйиўди үйрениўин ҳақыйқаттан қәлесек, бизлер өзимизди өзимиз кеширип билиўимиз керек. Бизлер ийнимизде қандай жүкти алып жүргенимизди түсинбей турып, кекшиллик, ғәзеплениў аңсат ғана өмиримиздиң бир бөлегине айланады.
Мен, ақыр-ақыбет, басқа адамды кешириў оның қылмысын ақлаўды нәзерде тутпайтуғынын, ал мени азат ететуғынын түсинген ўақтымда, адамларды кешириў мен ушын аңсатырақ болды. Мен басқаны кеширип атырып, оған: «Сениң ислегениң бир жөнли», — деген түсиникти берип атырман деп бәрҳа ойлайтуғын едим. Бирақ бул улыўма ондай емес. Кеширип атырып, бизлер Қудайдың әдиллигине исенимимизди тастыйықлаймыз. Қудайға: «Әке, мен усы адамның жаўызлығы мениң жанымды бийлеп алыўын басқа қәлемеймен», — деп айтып, мен ҳақыйқатты Қудай билетуғынын мойынлайман ҳәм Оған Судья болыўға жол беремен, себеби тек Ол болған ўақыя ҳаққында барлық ҳақыйқатты биледи.
Мухаддес Китап: «…Қудай ҳақлық Қудайы: Оған үмит еткенниң бәршеси бахытлы!» (Ийшая 30:18), — деп айтады. Қудайға өзимиздиң кешириўди билмейтуғынымызды мойынлай отырып, бизлер Оның жарылқаўын аламыз ҳәм еркин боламыз ҳәм Қудайдың ҳәрекет ете баслаўын тыныш күте аламыз. Бул соған турарлық емес пе? Бул өмиримизге аўырыўлар ҳәм азапларға жол ашып өз жанымызды қаталлық қамақханасында услап турыўдан жақсырақ емес пе?
Өзин сабаған әкени ул қалай кешире алады? Өзиниң қызын өлтирген мәс айдаўшыны ана қалай кешире алады? Өзиниң үстинен зорлық ислеген дайысын жас қыз қалай кешире алады? Өзине мийримли болмағанға қалай мийримли бола алады? Егер бул адамлар Қудайға исенбесе, Оның толық кеширимин түсинип ҳәм қабыл алмаса, ҳеш қандай кешире алмайды. Өзинде өмир ҳәм бизлердиң пүткил барлығымыздың толық жаңарыўын алып келетуғын шекленбеген ҳәм шәртсиз кеширимди Қудайдан алған ўақтымызда басымыздан өтетуғын жеңиллениў ҳәм көзимизден ағатуғын қуўаныш жаслары менен ҳеш нәрсе тең келе алмайды. Павел: «…мен өзимди усы мақсетке жеттим деп есапламайман. Тек ғана изде қалғанларды естен шығарып, алдындағыларға умтылып атырман. Қудайдың сыйына, Оның Масих Ийса арқалы шақырған аспандағы өмирине ерисиў ушын, мен белгиленген мақсетке жетиўге тырысып атырман» (Филип 3:13-14), — деп айтты.
Егер өтмишке байланған болып қалсақ, бизлер өзимиз ушын Қудайдың таярлаған өмири менен жасай алмаймыз. Ийса: «Мийрим-шәпәәтлилер бахытлы! Олар мийрим-шәпәәт алады» (Матта 5:7), — деп айтты. Келиң балаларымыз ушын — олар адамларға мийримли болыўы ушын ҳәм өзлерине деген Қудайдың мийримин сезиўге ҳеш нәрсе тосқынлық етпеўи ушын дуўа етейик. Келиң, олар қәлеген қолайлы жағдайда адамға: «Мен сени кеширдим», — деп айта алыўы ушын, өкпениң ғәзеби оның Қудай менен ортасында дийўал болмаўы ҳәм бизлердиң дуўаларымызға тосқынлық етпеўи ушын дуўа етейик. Бизлерде сизлер менен усы дийўалды бузыўға ўақтымыз жоқ; бизлерде дуўа етиўимиз керек болған машқалалар жүдә көп.
Қудайым, Сениң Сөзиңде: «Туўысқанын сүйген адам нурда жасайды ҳәм онда сүрнигиўге себеп болмайды. Бирақ, туўысқанын жек көриўши қараңғылықта болады. Ол қараңғылықта жүрип, қаяққа баратырғанын билмейди. Өйткени қараңғылық оның көзлерин соқыр еткен» (Юхан. 1-х. 2:10-11), — деп айтылған. Маған қашан кекшил ҳәм жаўыз болғанымды көрсет, себеби мен бундай болыўды қәлемеймен. Мен баратырған жолымды анық көриўди қәлеймен. Соны мен балам ушын да соранаман: ол бәрҳа кеширим ҳәм сүйиспеншилик нурында жүрсин. Оған барлық шаңарақ ағзаларын, досларын ҳәм басқаларды кешириўине жәрдем бер. Сениң мийрасыңды ала алыўы ушын оны өтмиштиң буғаўынан азат болыўға үйрет. Оның жүрегинде қайғы, жақтырмаўшылық ямаса ғәзеп жасырыныўына жол қойма, усы сезимлердиң ҳәммеси пайда болғаннан баслап оны Саған ашып айтыўға үйрет.
Мен Сеннен баламды өзиниң алдыңғы қәте ҳәм әўметсизликлери ушын өзин өзи кешириўге үйретиўиңди соранаман, усы жерде ҳәм өзиниң өмиринде жүз берип атырған барлық жаманлықларға Қудайым ҳеш қашан Сени айыпламасын. Өзиң үйреткениңдей мен оның өзиниң душпанларын сүйип, өзин ғарғағанларды жарылқап, өзин жек көриўшилерге қайырхом болып, қапа қылыўшылар ҳәм қуўдалаўшылар ушын дуўа етиўи ҳаққында соранаман (Матта 5:44-45-ге қараң). Ийсаның атынан мен балам өзиниң барлық гүналарын кеширгениңди түсинип ҳәм буны түсиниўден қуўанышқа толып жасаўы ушын соранаман.
«Жек көриўшилик пенен бирликте ҳәр бир жаман нийет, ашыў, ғәзеп, бақырыс ҳәм өсек сизлерден узақ болсын. Ал бир-бириңизге мийирман ҳәм жан ашыр болыңлар. Қудай сизлерди Масих арқалы кеширгениндей, сизлер де бир-бириңизди кешириңлер».
«Егер сизлерге гүна ислегенлерди кеширсеңлер, аспандағы Әкеңиз де сизлерди кеширеди. Ал егер, сизлерге гүна ислегенлерди кеширмесеңлер, Әкеңиз де гүналарыңызды кеширмейди».
«Патша қәҳәрленип, өзине берилетуғын қарыздың бәрин төлеп болмағанша, оны жазалаўшылардың қолына тапсырыпты. Егер сизлердиң ҳәр бириңиз туўысқаныңыздың гүнасын шын кеўлиңизден кеширмесеңлер, Мениң аспандағы Әкем де сизлерге солай ислейди, — деди».
«Адамның ақылы ашыўын тыяды, гүнаны кешириў оған даңқ келтиреди».
«Дуўа етип турғаныңызда, биреўге өкпели болсаңыз, оны кешириң, сонда аспандағы Әкеңиз де сизлердиң гүналарыңызды кеширеди, — деди».
27-бап
Сиз оларға өзлериниң қылмысларын мойынлап, оларға тәўбе етип ҳәм кеширим алыўды тек үйретпегени себепли сезимниң аўырлығы астында жасайтуғын балаларды қашан болса да көрдиңиз бе? Бул балалардың жүзлери айыплаўдан азат болған балалардың жүзлерине қарағанда ондай жарық ҳәм тыныш емес. Мухаддес Китап: «Жаратқан Ийеге сыйынып көз тиккенлер жайнайды, олар шадланып, ҳеш уятқа қалмайды» (Забур 33:6), — деп айтады. Өзлериниң қәтелерин мойынлайтуғын, оларға өкинетуғын ҳәм өзгериўди қәлейтуғын балалар сырттан да улыўма басқаша көринеди ҳәм өзлериниң гүналарын жасыратуғын ҳәм өзгериўди қәлемейтуғын теңлеслерине уқсас емес.
Гүналарыңды мойынлаў ҳәм тәўбе етиў — балаларымыз орынлаўды үйрениўи керек болған еки өмирлик қағыйда, себеби тәўбе етилмеген гүна олардың Қудай менен ортасында дийўал орнатады. «Гүнадан жеркениў ҳәм оны ҳеш ўақытта қайталамаўға шешим қабыл етиўди» билдиретуғын тәўбе етиў, егер балаңыз келеси: «Мен буны иследим. Мен буған өкинемен ҳәм буны қайталаўды қәлемеймен», — деген сөзлерди айтқан жағдайда болады. Тәўбе етилмеген гүна балаңызды қуллықта услап турады ҳәм бул оның жүзинде, минезинде ҳәм қылықларында көринетуғын болады.
Қулақ аспайтуғын Израильге мүрәжат етип, Қудай: «Сол жерде өзиңизди ҳарамлаған жолларыңыз ҳәм барлық ислериңиз ҳаққында еске түсириң ҳәм ислеген барлық жаўызлықларыңыз ушын өзиңизге өзиңиз ғәзеплениң» (Езекиел 20:43), — деп айтты. Тәўбе етилмеген гүна ушын өзимизге усындай жеркеништи бизлер бастан өткеремиз ҳәм көбинесе бул бизлердиң өзимизди пәс баҳалаўымызда көринеди. Сапасы төменлилик ҳәм айып сезими балалардың жүрегине тамыр жайып, егер тек бизлер, ата-аналар оларға гүналарын тәўбе етип ҳәм оларға өкиниўди үйретпесек, олардың өмирин бузыўы мүмкин.
Мен өзлериниң қылмысларын мойынламастан алдын айып ислегенин бәрҳа балаларымның жүзлеринен көретуғын едим. Кейин олар маған өзиниң гүнасын жасырыў өзлери ушын қандай аўыр сынақ болғанын, оны өзинде алып жүриўдиң қандай аўыр болғаны ҳаққында айтып беретуғын еди.
«Бул Қудайдан билиўим керек нәрселердиң ҳәммесин маған ашыўын сорағаным себепли ҳәм Мухаддес Руўхтың сизлер натуўры ислегениңизди бәрҳа маған айтатуғыны себепли», — деп балаларыма айтатуғын едим.
Баланың таза көзлериниң муңласып атырғанын көриўден-ақ, мен сол ўақытта Қудайдан олардың түрли сырлы гүнасын ашыўын сорайтуғын едим. Мойынлаў, тәўбе етиў ҳәм сәйкес келетуғын жазадан кейин Кристофер ҳәм Аманда улыўма басқаша: аўыр жүк ийнинен түскендей көринетуғын еди. Гүна жанды уўлайды, ал тәўбе етилмеген гүна адамды төмен шөктиреди, оның образын бузады ҳәм муңластырады. Тәўбе етилген гүна ҳәм бойсынған жүрек өмирге нур, исенимлилик ҳәм еркинлик алып келеди.
Идеал балалар жоқ болғанлықтан, бизлер Қудайдан аўыр нәтийжелерге алып келместен алдын шара қолланыўымыз ушын, баланың жүрегинде жасырынған түрли сырлы гүнаны бизлерге көрсетиўин сораўымыз керек. Буның ҳәммесин Қудай ислейди, «себеби Ол жүректиң сырларын биледи» (Забур 43:22-қа қараң). Бизлердиң ҳәммемиз ҳаялларын уратуғын, балаларын қысатуғын ямаса тоқтаўсыз «кеўилли» өмирди алып баратуғын «жағымлы ҳәм әдепли» ер адамлар ҳаққында еситтик. Бәлким усындай ер адамның жүреги тәўбе етилмеген гүнаны сақлағанына исенимли шығарсыз. Балаларыңыздың жүрегиндеги қәлеген сырлы гүна өзи менен ең қәлемеген нәтийжелерди алып келиўине гүманланбасақ та болады. Оны ашыўдың ўақты келди. «Ислеген барлық гүналарыңызды өзлериңизден бийкар етиң ҳәм өзиңизге таза жүрек ҳәм таза руўх жаратың; ҳәм Израиль үйи сизлерге өлиўдиң не кереги бар» (Езекиел 19:31). Қудайдан кейин ол ушын денениң ямаса жанның саўлығы менен төлеўге туўра келмеўи ушын өзиңиздиң жүрегиңиздеги ямаса балаңыздың жүрегиндеги түрли тәўбе етилмеген гүнаны шығарыўын сораң.
Гүна өлимге алып барады. Тәўбе етиў өмирге алып барады. Бизлер гүналарымызды Қудайдың көзин ашыў ушын мойынламаймыз — Ол онысыз да ҳәммесин биледи. Тәўбе етиў — бул бизлердиң тазаланыўға ҳәм ҳәммесин бастан баслаўға имканиятымыз. Балаларымыз буған бизлерден кем мүтәж емес.
Қудайым, балам тәўбе етип, өкинип ҳәм кеширилиўи ушын барлық сырлы гүналарды ашып бер. Сениң Сөзиңде: «Әдалатсызлығы жиберилген ҳәм гүналары жабылғанлар бахытлы» (Забур 31:1), — деп айтылған. Балам гүнасын ҳеш ўақытта жасырмаўы, ал шын жүректен тәўбе етиўге бәрҳа таяр болыўы ушын өтинемен. Ол Саған мүрәжат етип: «Қәўипли жолдаман ба, сынап көрип, мәңгилик өмирдиң жолы менен жүргизе гөр» (Забур 138:24), — деп айтсын. Оның айып ҳәм ҳүким етиў сезиминиң аўырлығы астында ҳеш қашан жасаўына туўра келмесин, Қудайым ол Сениң өзин Масихта кеширгениңди түсинип таза ҳүждан менен жасасын. Мен оны жүреги бәрҳа Саған қаратылыўы ҳәм жүзи бәрҳа қуўанышлы болыўы ҳаққында соранаман.
«Ҳәй, сүйикли туўысқанларым, егер кеўлимиз бизлерди айыпламаса, онда Қудайдың алдында батыр боламыз ҳәм Оннан не сорасақ та аламыз. Себеби бизлер Оның буйрықларын орынлап, Оған унайтуғын нәрселерди ислеп атырмыз».
«Нәпәк адам өз жолынан наҳақ адам өз ой-пикирлеринен бас кешсин Ийеге тәўбе етсин, ол мийрим шәпәәт көрсетсин Қудайымызға келсин, себеби Оның мийрими мол».
«Соның ушын ҳәй Израил халқы, сизлерди, ҳәр бириңизди тутқан жолыңызға қарап ҳүким етемен — дейди, Қудай Ийе. Тәўбе етиң! Барлық қылмысларыңыздан бас тартың! Гүнәңыз сизлерди сүрниктириўине жол қоймаңлар».
«Өзиниң гүнасын жасырған жеңиске ериспейди, оларды тән алып, ўаз кешкен жарылқаў табады».
«Солай етип, тәўбе етиңлер ҳәм гүналарыңыздың жуўылыўы ушын Қудайға қайтыңлар. Сонда Жаратқан Ийемиз сизлерге рәҳәтлениў ўақытларын береди ҳәм сизлер ушын алдын ала тайынланған Масихты, яғный Ийсаны жибереди».
28-бап
Сизге балаңыздың жағдайы ямаса жүрис-турысында сизди жүдә қәўетерлендирген ҳәм тәшиўишлендирген, бирақ усы қәўетердиң себебин түсине алмаған қандай да нәрсени сезиўге туўра келди ме? Егер усындай болған болса, өзиңизге Қудайдан салынған тәбийий сезимниң даўысына қулақ салың ҳәм болып атырғанның себебин Оннан сораң. Бизлерде болып атырған ҳәмме нәрсе ҳаққында билетуғын ҳәм өзимиз даналық ҳәм ашылыс сорай алатуғын әлемниң Жаратыўшысы менен байланыс бар.
Балаларымыздың жүзинде айып көринисин көрген, бирақ оның неден шыққанын түсинбеген ўақтыңыз болды ма? Басқаша айтқанда, гәп қандай да қылмыс ҳаққында кетип атырғанын, бирақ өзиңизде дәлийл жоқлығын сиз сезиндиңиз. Бундай жағдайларда мен бәрҳа Қудайға: «„Қудайым! Саған ашық жаман ислерим, Сеннен жасырын емес ислеген гүналарым“ (Забур 68:6). Маған балам менен не болып атырғанын ашып бер», — деп дуўа ететуғын едим. Және де ҳәр сапары Қудай маған денениң шақырыўы бойынша исленген гүнаны көрсететуғын еди. Усылай балаларымның бири мен жеўге рухсат бермеген азықты өзиниң ханасына жасырын алып баратуғын еди. Басқа сапары қәлеген нәтийжесине жетиў ушын балалар өтирикке барды. Ҳәр бир жағдайда гүналар мениң дуўаларымнан кейин ашылды.
Мен балаларыма анасын ямаса әкесин алдаўға ҳәрекет етиўдиң кереги жоқ екенин бәрҳа ескертетуғын едим, себеби Қудай бәрибир оларға ҳақыйқатты көрсетеди. Тез арада мениң сөзлеримниң дурыслығына олардың көзлери жетти.
Мен бир ўақыяны жақсы еслеймен. Бул Аманда жети жаста болған ўақытта жүз берген еди. Күнде азанғы аўқаттан кейин шыпакеримиздиң көрсетпеси бойынша мен оған витаминлер: үш кишкене дражже беретуғын едим. Әдетте, мен олардың оның тарелкасының қасына ыдысқа қоятуғын едим. Алдын ол қыңырлық қылды ҳәм оларды қабыллаўды қәлемеди, бирақ кейин тынышланды ҳәм оның барлық қарсылықлары ҳәм наразылықлары тоқтады. Бирақ усы ўақыттың барлығында мени Аманданың жүрис-турысында бир нәрсе тәшиўишлендирди, мен надурыслықты сездим, бирақ тәшиўишимниң себебин айта алмайтуғын едим.
Мен Қудайға: «Қудайым, маған Аманданың өмиринде көрмей атырған, бирақ көриўим керек болған нәрсени көрсет», — деп мүрәжат еттим.
Келеси бир неше күнлер ишинде дерлик ҳеш нәрсе жүз бермеди ҳәм мен бул ҳаққында онша ойланбадым, себеби көшиў ушын нәрселеримди жыйнаў менен бәнт едим. Үлкен нәрселерди алып кетиў ушын жүкшилер келген сол күни бизлер балалар отырғышларынан көпшиклерди шешиўди басладық. Мине, Аманданың отырғышының көпшигиниң астында мен жигирма алты дражже таптым. Мен өз көзлериме исене алмадым. Күйеўиме тапқан нәрсемди көрсеттим ҳәм бизлер бирге күлкимизди услап тура алмадық, бирақ бизлер өзлеримизди қызымыз бенен әҳмийетли сәўбет күтип турғанын түсинетуғын едик.
Бизлер және бес көпшикти шештик ҳәм өзимиздиң қатты таң қалыўымызға олардың төртеўиниң астынан усындай домалақлардан және жигирма ямаса отызын таптық. Амандадан ең узақ турған отырғыш ғана «таза» болып шықты. Бул сапары бизлер күлкиден домалап қалдық.
Аманда мектептен келген ўақытта, ол бизлердиң қатаң түрлеримизди көрди. Столда оның алдында бетине шекем витаминлер толтырылған кесе ҳәм суўы бар кесе қойылды. Оған төмендегилер қатты айтылды: егер ол буны бирден жеўди қәлемесе, оған буның нени аңлататуғынын түсиндириўине туўра келеди.
Бул ўақыя қызық ҳәм онша әҳмийетли еместей көриниўи мүмкин, бирақ егер бул ҳийле ашылмай қалғанда ол үлкенирек өтирикке ҳәм өтирик баланың өмири ушын әдет боламан дегенше өсиўи мүмкин еди. Мен Қудайға үлкенирек нәрсе болмастан алдын усындай нәрселерди ашқаны ушын миннетдарман.
Балаңыз бенен оңлы емес нәрсе болып атырғанын сезген ўақтыңызда, оның ерси ҳалатының себеби, әлбетте жасырын гүна болмаўы мүмкин, машқала оның бир нәрседен қорқыўынан ямаса бир нәрсе оған азап берип атырғанынан ибарат болыўы мүмкин. Бәлким, ол қапашылықта ямаса албыраўшылықта, қызғанышты сезип атырған, өзин ойлаў ямаса менменликтиң бийлигиниң астында шығар. Анық табыў улыўма мүмкин емес; ҳәммесинен жақсысы бул ҳаққында Қудайдан сораў. Егер усы ўақытта сизде жағдайға анық түсиник болмаса да, бәрибир дуўа етиң. Ийса бизлерге усындай жағдайларда дуўа етиў ушын: «Бизлердиң азғырылыўымызға жол қоймай, шайтаннан қутқара гөр» (Матта 6:13), — деген сөзлерди қалдырды. Айырым ўақытлары бизлерден айрықша терең түсиниўшилик талап етилмейди; бизлер балаларымыздың өмирин Өзиниң Руўхының күши менен жарық етиўин ҳәм оларды жаўызлықтан сақлаўын сорап, тек Қудайға дуўа етиўимиз керек. Баслысы — усы ўақытқа кеўил бериў.
Бүгин егер балаңыздың жүрис-турысы сизге улыўма жөнли көрингени менен, дуўа етиў ҳәрекетли ҳәм тәсирли усыл болып қала береди. Балаға жаман нәрседе бәрҳа гүманланыў жарамайды; олардың әтирапында өмирине кириў ушын қолайлы жағдайды күтип жүрген олардың жанының душпанына гүманланыўымыз керек. Қудайдың сөзи: «Сақ ҳәм сергек болыңлар. Душпаныңыз шайтан кимди жутсам екен деп, ақырған арысландай болып гезип жүр» (Петр. 1-х. 5:8), — деп ескертеди. Келеси: «Оған қарсы турың» деген аят бизлерге ҳәрекет етиў ушын анық көрсетпе береди. Келиң дуўа етейик.
Маған балам менен қатнас ушын даналық бер. Мен шайтанның әсте-ақырын ҳәрекет ететуғынын билемен, соның ушын Қудайым мен Саған сүйенемен ҳәм билиўим керек болған нәрсени маған ашыўыңды соранаман. Мен балам ушын албыраў, қәўетер ямаса толқынланыўды бастан өткерип атырғанымда мени дуўа етиўге үйрет. Маған өзимнен жасырын ҳәмме нәрсени көрсет ҳәм барлық сырлы нәрсе ашылады. Егер мен бир нәрсени ислеўим керек болса, не ислеўимди көрсет. Баламды тәрбиялаўда маған жәрдем берип атырғаның ушын Саған миннетдарман.
Қудайым, бүгин мен балам (қызым, баланың аты) Сениң қолыңа берип атырман ҳәм өтинемен: оны бағытла, қорға ҳәм оған өмиринде өзиниң орнын беккемлеўге ҳәрекет етип атырған гүнаны көрсет. Жүрегинде өзиниң қорғанын тиклеўди қәлейтуғын шайтан менен урыс алып барыўға оған күш бер. Керек ўақытта бәрҳа Саған барыўы ҳәм Сенде таяныш ҳәм пана излеўи ушын баламды душпанның жақынлағанын сезиўге үйрет. Ол Саған: «…тазарта гөр, Қудайым, сырлы гүнамнан» (Забур 18:13), — деген сөзлер менен мүрәжат етсин.
Мен Сениң Сөзиң бойынша: «Ийемиз мени ҳәр қандай жаманлықтан қутқарады ҳәм Өзиниң Аспан Патшалығына аман-есен апарады. Оған мәңгиге алғыс-мақтаўлар болсын» (Тим. 2-х. 4:18) деп жәриялайман.
«Саған Аспан Патшалығының гилтлерин беремен. Сен жер бетинде нени байласаң, сол аспанда да байланады, және де, сен жер бетинде нени шешсең, сол аспанда да шешиледи, — деп жуўап берди».
«Солай етип, олардан қорқпаңлар. Өйткени ашылмайтуғын ҳеш қандай сыр, билинбейтуғын ҳеш қандай жасырын нәрсе жоқ».
«Әдалатсыз әлбетте жазасыз қалмайды, әдил адамның болса әўладлары да жубаныш табады».
«Қыйналғанларға Жаратқан Ийе пана болады, қыйын жағдайда қорған болып турады».
«Мени шақыр, Мен саған жуўап берейин, сен билмейтуғын уллы, ақылға сыймас затларды саған билдирейин».
29-бап
Бийтаныстың машинасына миниў керек емеслигин балам биле ме? Қәўипли болғаны ушын терең суў сақлағыштың қасында ойнаў керек емеслигин не? Нәшебентликти татып көриўди усыныс етип атырған теңлеслерине балам ямаса қызым «яқ» деп айта ала ма? Көшени кесип өтиўден алдын ол оңға ҳәм шепке қараўды умыта ма? Өзине улыўма туўра келмейтуғын қызға балам маған турмысқа шық деген усыныс ислей ме? Балаларым шетлеп өте алмайтуғын қәўипти сезе ала ма? Балаларыңыздың әўмети ҳәм қәўипсизлиги көбинесе тек өзлери қабыл ете алатуғын шешимлерге байланыслы. Бирақ усы шешимлердиң нәтийжелери ҳаққында ой қәлеген ата-ананы қорқынышқа алып келиўи мүмкин.
Егер олар даналық, ҳақыйқатты өтириктен айырып билиў ҳәм Қудайдың даўысын еситиў сыяқлы сыйларға ийе болмаса, бизлер балаларымыз қабыл ететуғын шешимлердиң дурыслығына исенимли бола алмаймыз. Усы жарылқаўларға ийе болыўдың жалғыз усылы-бул усы жарылқаўларды бериўи ҳаққында илтимас пенен Қудайға мүрәжат етиў. Мухаддес Китап бизлерге: «Егер араңыздағы бириңиздиң даналығы кем болса, ҳәммеге сақыйлық пенен, айыпламай беретуғын Қудайдан сорасын. Қудай оған береди» (Яқып 1:5), — деп айтады.
Сизде қашан болса да өмириңиздиң жағдайларын Қудай басқарып атырғандай сезим болды ма? Мысалы, сизлер бир қараўдан өзиңизге таң қаларлы көринген шешимди қабыл еттиңиз, бирақ нәтийжеде ол дурыс болып шығады. Бәлким, бир күни сиз светофор сизге жол бергенде шепке бурмаған шығарсыз? Бирақ онда сиз қызыл реңде сизге қарсы киятырған автомобиль менен дүгискен болар едиңиз. Сиз дурыс иследиңиз, бирақ бунда сизиң хызметиңиз жоқ. Айырым адамлар буны сәйкес келиў деп атайды, мен болсам бунда Қудайдың өнерин көрип турман.
Бизлер балаларымыз ақыллы ҳәм дана болыўын қәлеймиз, себеби ер жетип, олар өмиринде көплеген әҳмийетли шешимлерди қабыл етиўи керек болады. Усылай, орта мектепти питкергеннен кейин балам анық шешим қабыллаўы керек еди, мен жалғыз отырып, демимди жутып: «Қудайым, оған даналық ҳәм Өзиңниң анық басқарыўыңды бер», — деп ол ушын дуўа етип отырдым. Қудай усы сораўға жуўап берди ҳәм бүгин бизлер сол ҳәрекеттиң ҳақыйқый себебин тек Қудай билсе де, сол ўақытта Кристофер қабыл еткен шешимниң дурыслығына исенемиз.
Сулайманның нақыл-мақал китабында: «Дана перзент әкесине қуўаныш, жаман перзент болса анасына қайғы алып келеди» (Нақ. мақ. 10:1), — деп анық көрсетилген. Ҳақыйқаттан да, баласы даналық пенен ислейтуғынның әкесинен басқа ким үлкен мақтанышты сезе алады ҳәм баласы өзин ақмақ сыяқлы тутатуғынның анасынан басқа ким көбирек қапа болады ҳәм азап шегеди? Сулайманның нақыл-мақаллары бизлерге: егер бизлер ғәзийнени излегендей, «ақылға өтинип» ҳәм «оны излесек», онда Қудай ҳаққында билимди алатуғынымызды үйретеди (Нақ. мақ. 2:3-5-қа қараң). Мен өзлеримиз мүтәж болған барлық мағлыўматлар ҳәм барлық даналық Қудайда жәмленгенине исенемен. Келиң, Қудайға өтиниш дуўалары менен мүрәжәт етейик ҳәм өзимизди бахытсызлықлардан қәўипсизлендирейик.
Сениң Сөзиңде: «Даналықтың басы — Ийемизден қорқыў, Қудайды билиў — ақыл…» (Нақ. мақ. 9:10), — деп айтылған. Сениң уллылығыңның алдындағы саў қорқыныш ҳәм Сени билиў оның өмири қурылатуғын тырнақ болсын. Шешим қабыллаўдан алдын ол қәтелеспеўи ушын бәрҳа Саған мүрәжат етсин. Оған ақылдың ҳәм билимниң барлық ғәзийнеси Өзиңде жасырынғаны ҳәм бул ҳаққында Өзиңнен сорағанымызда қалыс беретуғының ҳаққындағы ҳақыйқатты ашып бер. Қудайым, ол даналықты Сеннен излесин. Сеннен илтимас: ол тынышлық ҳәм өмир жолында жүриўи ушын балама сорағанларын молынан төк.
«Әдил адам әкесиниң басын аспанға көтереди, дана перзент оны қуўанышлы қылады. Ата-анаң сеннен қуўанышлы болсын, саған өмир берген анаң шад болсын».
«Даналықтың басы усы, дана бол, бар-жоғыңды берип болса да ақыл ал. Даналықты жоқары баҳала, Ол сени мәртебели қылады. Даналықты өз қушағыңа алсаң, Ол сени ҳүрметлейди».
«Жаратқан Ийениң нызамы минсиз, ол жанка күш береди, Жаратқан Ийениң аяны исенимли, Ол әпиўайы адамды дана қылады».
«Даналық жүрегиңе кирип барғанда, Жағыңа жағымлы болар билим. Сонда ақыллылық ҳәм түсиниўшилик, Сени қорған жүреди. Булар сени жаман жолдан, Жалған сөйлеўшилердиң сөзлеринен сақлайды».
«Даналыққа ерискен, ақылды тапқан қандай бахытлы! Себеби оның үлеси гүмистен, пайдасы болса алтыннан да жоқары. Ол қымбат баҳалы таслардан да қымбат. Сен қәлеген нәрселердиң биреўи де Оған тең келе алмайды. Оның оң қолында узақ өмир, шеп қолында болса байлық ҳәм даңқ бар. Жолы — шадлық жол, барлық соқпақлары тыныш. Даналық оны услап турғанлар ушын өмир тереги сыяқлы, оны сақлағанлар болса бахытлы».
30-бап
Мен жас өспиримлердиң ата-аналарынан: «Мениң баламды ҳеш нәрсе қызықтырмайды», «мениң қызым жоғалған сыяқлы ҳеш қандай мақсетсиз үйде гезип жүреди», «мениң баламды мектептен қуўып жибереди, ал оған болса бәри бирдей көринеди», «мениң қызым өмирге қызығыўшылығын улыўма жоғалтты», — деген сөзлерди көп еситтим. Усы жағдайлардың ҳәр биринде балалар өмирдиң мәнисин билмегенликтен азап шегип, олар оны Қудайға ҳәм Қудайдың сөзине исенбегени себепли көрмейтуғын еди.
Исеними жоқ балаларға жасаў қыйын. Оларда жақсы тәрепке өзгериўге үмит жоқ, олар өзиниң арналыўын билмейди. «Қызық ҳәдийсени» излеп көше бойынша жүреди ҳәм әдетте оларды табады. Исенбеўши балалар өзлерин усындай исенимге ийе емес балалардың топарында өткереди. Бул аўыр балалар деп аталатуғынлардың машқаласы. Олар Ийсаның өзлери менен өлгенин (Рим 5:8-қа қараң), өзлериниң сүйиўши Қудайдың балалары екенин (Юхан 1:12-қа қараң), өзлеринде айрықша мақсет ҳәм шақырық бар екенин (Коринф 1-хаты 7:22-қа қараң), өзлериниң келешеги әжайып екенин (Коринф 1-хаты 2:9) билмейди, себеби олар ҳәммесин ислей алады (Рим 8:37-қа қараң). Олар «исенетуғын адамға ҳәмме нәрсе мүмкин» екенин (Марк 9:23) ҳәм өзлериниң келешеги өзинде қандай да әжайып нәрсени ишинде сақлайтуғынын билмейди. Бул балалар тек өзлериниң кемшиликлерин, өзлериниң әўметсизликлерин ҳәм және үлкенлердиң күнделикли қарсылығын көреди. Соның ушын олардың өмирден кеўли қалған ҳәм олар ҳеш нәрсени қәлемейди.
Бирақ өзиниң сапасы кемлигин түсинип исенимниң жоқлығы ҳаққында гүўалық етиўи шәрт емес. Бирақ, өзин зыянлы сезип, адам Қудай да Өзиниң мүмкиншиликлеринде шекленгенлигин ерксиз ойлай баслайды ҳәм сол ўақытта адамның исеними ҳәлсирейди. Ал, егер балалар жалғыз, исенимли, өзгермейтуғын ҳәм уллы өмир Булағына исенбесе, онда олар қалай өзлерине қәўипли ҳәм турақсыз көринетуғын өзлериниң келешегине исенимли бола алады?
Енди, бир баланы өсирип ҳәм оны ер жеткенлик өмирге шығарып, мен ата-анасының үйин таслап кетип баратырғанда балалардың өзлери менен алып кететуғын жалғыз нәрсеси исеним болып табылатуғынын түсинемен. Егер бизлер балаларымыздың Қудайға ҳәм Оның Сөзине исеними беккем екенине, олардың жүрегинде Қудайдың сүйиспеншилиги жасайтуғынына исенимли болсақ, бизлер тыныш бола аламыз, себеби олар туўры жолдан баратыр ҳәм оларды мәңгилик өмир күтип турыпты. Буған жетиў ушын оларға көп нәрседе дуўаларымыз жәрдем береди.
Ийсаны күнде көрген, Оны еситкен ҳәм Оның жақсы ислериниң гүўалары болған елшилер, солай болса да Оннан: «…Исенимимизди арттыр» (Лука 17:5), — деп сорады. Бизлер балаларымыз ушын дуўа етип соранған ўақтымызда бул ҳаққында сорай аламыз.
Сизлер менен бизлерге қарағанда көбирек кәраматлар көрген израиллилерге олардың исенимсизлиги себепли ўәде етилген жерге кириўге рухсат етилмеди (Еврей 3:19-қа қараң). Бизлер Қудайдың олар ушын таярлаған мийрасын балаларымызға алыўға олардың ҳәлсиз исеними тосқынлық етиўин қәлемеймиз. Бизлер оларды олардың жүрегинде исеним туқымын егетуғын Қудайдың сөзине үйрете аламыз ҳәм оның өсиўи ушын дуўа ете аламыз.
Исениўши балалар өзлериниң исенбеўши теңлеслеринен айырылып турады: олар келешекке өзлерине исенимлирек, мақсетлирек, олар бахытлырақ, хош кеўиллирек ҳәм адамларға ашығырақ қарайды. Исенимде беккем адамның баслы қәсийетлериниң бири бериўди билиў, басқалар менен тек ақшаларды ҳәм материаллық баҳалықларды ғана емес, ал өзиниң ўақтын ҳәм сүйиспеншилигин де бөлисиўди билиў болып табылады. Ол қоллап-қуўатлаўға аўыр ўақытларда жәрдем бериўге бәрҳа таяр. Исениўши адам Қудайдың сүйиспеншилигине толы ҳәм басқа адамлар менен оны бөлисиўге мүмкиншилик излейди.
Мухаддес Китап: «Солай етип, мына үш нәрсе мәңгиге қалады: исеним, үмит ҳәм сүйиспеншилик. Бирақ, булардың ең баслысы — сүйиспеншилик» (Кор. 1-х. 13:13), — деп айтады. Аспанда бизлерден исеним талап етилмейди, себеби бизлер ҳәммесин көзимиз бенен көремиз. Үмит те сол жерде керек емес, себеби бизлердиң үмит еткен барлық нәрсемиз ҳақыйқат болады. Тек сүйиспеншилик таўсылмайды ҳәм мәңги даўам етеди, себеби Қудай сүйиспеншилик, ал Ол мәңги. Соның ушын бизлердиң қандай уллы нәрселерди ислейтуғынымыз ҳәм басқаларға қанша бере алатуғынымыздың әҳмийети жоқ — егер сүйиспеншиликсиз исленип атырса, буның ҳәммеси пайдасыз. «Егер мен пүткил мал-мүлкимди жарлыларға үлестирип берсем, ҳәтте, өзимди қурбан етип, денемди отқа жағыўға тапсырсам да, бирақ сүйиспеншилигим болмаса, буннан маған ҳеш қандай пайда жоқ» (Коринф 1-хаты 13:3). Сүйиспеншилик пенен исленген ислеримиз мәңгиликте қалады ҳәм олар ушын сый — өмир тажы.
Сүйиспеншилик — уллы баҳалылық. Ол дәл исеним менен басланса да, исенимге қарағанда көбирек. Соның ушын бизлер балаларымыз исенимде өсип атырып, Қудайдың қолында қурал болыўы ушын дуўа етемиз. Әдетте адамлар басқалар менен бөлисиўди қәлемейди, себеби зыянда қалыўға, өзлерине жетпеўинен де қорқады. Басқа себеп, олардың жүрегинде адамларға деген Қудайдың сүйиспеншилиги жоқ екенинен ибарат. Келиң, балаларымыз сүйиспеншилигин бөлисиўди үйрениўи, бирақ буны тек Қудайға исеним менен, даналық пенен, Мухаддес Руўхтың басқарыўы астында ислеўи ушын дуўа етейик. Егер олар усы қағыйдаға ерсе, олардың өмири сөзсиз Қудайдың жарылқаўына толады.
Бизлер балаларымыз ушын қызғын ҳәм шын жүректен дуўа еткен ўақтымызда, өзлеримиздиң дуўа етиўге, азат болыўға, жаңарыўға мүтәж екенимизди жийи сеземиз. Егер бизлердиң өзлеримиз қапашылықты умытпасақ, балаларымыздың кешириўди үйрениўи ушын дуўаларымыз тәсирли болыўы мүмкин бе? Егер бизлер өзлеримиз жүрегимизде тәўбе етилмеген гүнаны сақласақ, олардың өкиниўди үйрениўи ушын дуўа етиўге күшти қай жерден аламыз? Егер өзлеримиз гүман менен гүресип атырсақ, Қудайдан балаларымыздың исенимин көбейтиўин қалай сорай аламыз? Егер өзлеримиз мийримли болыўды билмесек, оларды адамларды сүйиўге үйрете аламыз ба? Мени де усы гүманлар қыйнайды, бирақ мен дуўа етиўди тоқтатпайман. Мен Қудайға бойсынған жүрек пенен келемен, өзимде тапқан жаман нәрсени мойынлайман ҳәм Оннан жәрдем сорайман.
Егер сиз исенимиңиз ҳәлсиз екенин сезсеңиз, Қудайға буны мойынлаң ҳәм усы баптың ақырында жайласқан өзиң ушын дуўа менен, ал кейин болса балаңыз ушын дуўа етиң. Мухаддес Китап: «…исеним менен исленбеген ҳәр бир ис — гүна» (Рим 14:23), — деп айтады. Егер бизлер гүманлансақ, онда бизлердиң Қудайға бойсынбағанымыз; егер бизлер исенсек, онда бизлер бойсыныўда жүремиз. Гүман Қудайдың уллылығына исенимсизликтен пайда болады. Өзиңиздиң ҳәлсиз исенимиңизди сизиң Қудай менен ортаңызда дийўал тиклеўине жол бермең. Жақсысы ол сизиң Қудайға тез өзиңиздиң исенимиңизди ҳәм балаңыздың исенимин көбейтиўин сорап мүрәжат етиўге сылтаў болсын.
Усы китаптың дуўа етиў сериясын тамамлап атырсақ та, мен буны балаларымыздың мүтәжликлерин сорап дуўа етиўдиң таза жолларын Қудай көрсететуғын дуўа етиў хызметиңиздиң тек басланыўы деп есаплайман. Дуўа етиўши әке ямаса дуўа етиўши ана сыпатында ийе болған күшиңиздиң Қудайдан берилгенин, ал сизиң дуўаларыңыз Қудайдың ерки орынланыўы ушын усы күшти азат етиўин есте тутың. Бул күш сизге бәрҳа қол жетерли; оның аўысығы ҳеш қашан таўсылмайды, ал жалғыз тосқынлық тек Қудайдың әлбетте жуўап беретуғынына исенимиңиздиң ҳәлсизлигинде болыўы мүмкин. Бирақ, усы жағдайда да Қудайдың жарылқаўы бизлерде бар болған сол қышқыл туқымына уқсас кишкене исеним де, оннан үлкенирек нәрсе өсиўи ушын жетерли болатуғынында ҳәрекет етеди.
Келиң, басқа ата-аналар менен дуўада бирлесейик ҳәм: «Бизлердиң дуўада егилген исенимимиздиң туқымы балаларымыздың жүреклери өмир алып келсин ҳәм Қудайға қараған үлкен адамлар болып өсиўине жәрдем берсин», — деп айтайық.
Балам (қызым, баланың аты) Сениң менен байланыс өмиринде ҳәммесинен де әҳмийетли екенине беккем исенсин. Ол сырттан ҳеш қандай басымсыз өз қәлеўи менен Саған келсин. Бул дүньяны тәрк еткен ўақтымда баламның исеними «…тайсалмай беккем туратуғын ҳәм Ийемиздиң хызметинде бәрқулла ғайратлы болып» (Кор. 1-х. 15:58-қа қараң) қалыўына жетерли күшли исенимли болыўды қәлеймен.
Балам исенимде жүрип, басқа адамларға төгилетуғын Сениң сүйиспеншилигиңе толы жүрекке, Сениң ўәсиятыңа тийкарланып басқалар менен бөлисиўге таяр жүрекке ийе болыўын сорайман. Оған сүйиспеншиликти ким менен болса да бөлисип ҳеш нәрсе жоғалтпайтуғынын, ал тек және де көбирек алатуғынын ашып бер. Балам «шайтанның барлық отлы оқларын өшириўге» уқыплы «исеним қалқанын» (Ефес 6:16-қа қараң) қолына алыўын, ол: «Маған күш-қуўат берип қойған Ийемиз Масих Ийсаға миннетдаршылық билдиремен. Себеби Ол мени садық деп есаплап, Өз хызметине тайынлады» (Тимофей 1-хаты 1:12), — деп айтып, исенимде беккем турыўын соранаман. Усының ҳәммеси ҳаққында мен Ийса Масихтың атынан сорайман.
«Исеним болмаса, Қудайға унаў мүмкин емес. Өйткени ким де ким Қудайға жақынламақшы болса, Оның бар екенине ҳәм Оның Өзин излегенлерди сыйлықлайтуғынына исениўи тийис».
«Сонлықтан да сизлерге айтатуғыным: дуўа еткениңизде нени сорасаңлар да, алғаныңызға исениң, сонда ол сизлерге бериледи».
«Ийса оларға: — Исенимиңиз аз болғанлықтан. Мен сизлерге шынын айтып турман: егер исенимиңиз қышқыл туқымындай ғана болса да, бул таўға: „Усы жерден ана жерге көш!“ десеңлер, ол көшеди. Сизлердиң қолыңыздан келмейтуғын ҳеш нәрсе болмайды, — деди».
«Бирақ ҳеш гүманланбастан, исеним менен сорасын. Өйткени гүманланған адам самал менен шайқатылып, тынышсызланған теңиз толқынына уқсайды. Өзиниң пүткил жолларында турақсыз болған бундай еки ойлы адам Ийемизден бир нәрсе аламан, деп ойламасын».
«Солай екен, жақсылық ислеўден жалықпаңлар. Егер ҳәлсизленип қалмасақ, ўақты келгенде жемисин орып аламыз. Сонлықтан, мүмкиншилигимиз бар екен, ҳәмме адамға, әсиресе, исениўши туўысқанларымызға жақсылық ислейик».
Қосымша
Балаларымыз ушын коллективли сораныў мақсетинде дуўа етиўди шөлкемлестириўге ислеген бир неше ҳәрекетлеримнен кейин, мен усындай түрдеги хызметти өткериў қандай әҳмийетли екенлигин ақыр-ақыбет түсиндим. Мен усындай ҳәр бир хызметтиң тәртиби ең дәслеп жигирмалаған баланың илтимасларынан ибарат болыўы кереклигин түсиндим, себеби ҳәр бир баланың мүтәжликлерин көрип шығыўға 20–30 минут кететуғын еди. Жигирма балаға дуўа етиў ушын алты саат талап етилетуғын еди. Ата-аналарға балалардың өзлерин қалай сабырлы тутыўын айтпағанда, өзиниң көп санлы ўақтын қурбан етиўге туўра келетуғын еди. Соның ушын, бизлер усындай ушырасыўларды жылына еки мәрте, шемби күнлериниң биринде ямаса байрамларда өткериўди шештик.
Бизлер өзлеримиздиң дуўа етиў жыйналысларымызды саат 2-ден баслап, кейин 5-тен 5.30-ға шекем тәнепис, кейин болса дуўа етиў кешки 8.30-ға шекем даўам ететуғын еди. Айырым ўақытлары бизлер өзлеримиз бенен аўқат алып келетуғын едик, ал айырым ўақытлары оны үйге буйыратуғын едик. Бизлер үлкенлер дуўа етип атырған ўақытта жас өспиримлерден балаларға қараўын сорайтуғын едик.
Бир шаңарақтың барлық балаларына бирден дуўа етиў керек емес болып шықты, себеби пүткил шаңарақ буннан кейин үйине қайтыўды баслайтуғын еди. Бизлер тек өзлери ушын дуўа етиўге келген, ал кейин кеткен ямаса, және де жаманы сорап дуўа етиў ушын баласын алып келип, ал кейин оны алып кетиўге келген жағдайлар менен келиспейтуғын едик. Бизлер бир мәрте өзиниң жумыста бәнтлигинен жыйналыста бола алмаған жалғыз-ананың усындай илтимасына жуўап бердик. Усындай жыйналысларда
Бизлер бәрҳа өзлеримиздиң ҳәрекетлеримиздиң избе-излигин анықлаўымыз ушын барлық шаңарақлардың дизимин дүзиўден баслаймыз. Кейин бизлер орнатылған тәртипте алдын ҳәр бир шаңарақтың тунғышлары, ал кейин барлық кишкенелерге дуўа етемиз.
Бизлер бәрҳа дуўа етиўди ата-аналар өзлериниң барлық қәўетерлерин ашық айта алыўы ушын ҳәм ата-анасының пикири бойынша баласы ямаса қызы еситпеўи керек болған баласының қандай да анық мүтәжлиги ҳаққында айтып бериўи ушын баланың жоқлығында баслаймыз. Усы бала ушын дуўа етиўде бизлер Қудайдан оның ден саўлығын беккемлеўин, оны қорғаўын, оның қылмысларын басқарыўын, оған өзиниң қәбилетлерин ҳәм талантларын раўажландырыўға жәрдем бериўин ҳәм баланың ата-анасының еске алған оның машқаласына ең әдепли түрде жантасыўымызды сораймыз.
Мысалы, бир ана баласының айырым досларының оған жаман тәсир етип атырғанынан қатты қәўетерли еди. Бизлер бала
Усы жыллар даўамында бизлер бирге дуўа еткен шаңарақлар бүгинги күнде де балаларының өмирине биргеликтеги дуўа еткенлеримиздиң күшли тәсири ҳаққында ҳәм сол дуўа етиўлерине көплеген жуўап алғанлары ҳаққында айтады. Өзлерин керекли ҳәм сүйикли сезген сол жыйналысларды балалар да қуўаныш пенен еске алады. Ата-аналар өзлериниң ата-анасының үйинен узақта жасайтуғын ер жеткен балалары ушын дуўа етиўимизди сораған жағдайлар да болды. Бул ата-аналар да бизлердиң дуўа етиўимиздиң нәтийжесинде келтирилген жақсы жемис ҳаққында гүўалық ететуғын еди.
Неше өмир қутқарылғанын ҳәм қутқарыла алатуғынын ким биледи, ана яки мына образда тек ата-аналардың дуўа етиў ушын бирге жыйналатуғыны себепли ме? Усындай дуўа ететуғын топарларды шөлкемлестириўге сизлер де асығың. Буған зәрүрлик жоқары ҳәм егер сизлер шешим қабыл етсеңиз, адамлар әлбетте сизге келеди.
Ескертпелер
1
Дислексия — оқыў шынығыўына ийе болыў уқыбының бузылыўы. —
2
Рус синодал Мухаддес Китапта: «Адамдағы саўға оған кеңликти береди ҳәм оны төреликке шекем алып барады». —
3
Рус синодал Мухаддес Китапта: «…бизлерге қорқыныш руўхын емес, ал күш, сүйиспеншилик ҳәм пәклик руўхын берди». —
4
Рус синодал Мухаддес Китапта: «Себеби сизлерде Масих Ийсада болған сезимлер болыўы керек…». —
5
112-беттеги ескертиўге қараң.