Джон Стотт
МАСИХЫЙЛЫҚТЫҢ ТИЙКАРЫ
Сөз басы
«Жəмəəтке душпан, Ийса Масихқа дос». Бул сөзлер менен бүгинги күнде көплеген адамларды, əсиресе, жасларды сүўретлеўге болады.
Олар мəкемелердиң ийиси шыққан барлық нəрсеге қарсы турады. Оларға жəмəəтте орнатылған тəртип (истэблишмент) ҳəм оның беккем артықмашлықлары жақпайды. Олар жəмəəтти де ҳеш қандай тийкарсыз инкар етеди, — себеби оны бир қанша кемшиликлери менен бузылған деп ойлайды.
Соған қарамастан, олар инкар етип атырған нəрсе Ийса Масихтың Өзи емес, ал заманагөй жəмəəт болып табылады. Әйне, соның ушын олар Ийса тийкарын салған заманагөй жəмəəттиң жағдайы менен масихыйлықтың Тийкаршысы арасында қарама-қарсылықты көреди, олар сондай əшкараланады ҳəм жүдə суўық. Деген менен, Ийса Масихтың Өзи ҳəм тəлийматы бизлердиң заманымызда да өзине деген дыққат — итибарды жойытпаған. Еки мың жыл бурын Ийса орнатылған тəртипке жийи-жийи қарсы шығатуғын еди, ал оның айырым сөзлеринде қозғалаңға шақырыўшы мəнис бар еди. Деген менен, Ийсаның идеялары өзгерген жоқ. Ол қай жерге барса да, сүйиспеншилик ҳəм тынышлық инəм ететуғын еди. Жəне де, Өзи қалай тəлим берген болса, анық солай өмир кеширди. Бирақ, Ол ҳақыйқый болған ба еди?
Дүньяда көплеген адамлар Масихтың ҳəм масихыйлықтың ҳақыйқыйлығы сөзсиз қабыл етилген хожалықларда тəрбияланбақта. Деген менен, бул адамларда сыншыл қəсийетлер раўажланып, олар жеке пикир жүргизе баслағанда, балалығындағы динниң күшли жерлерин изертлеўге қарағанда, олар ушын сол диннен ўаз кешиў аңсатырақ болады.
Ал, басқа көплеген адамлар масихый орталықта тəрбияланбағанлықтан, индуизм, буддизм, ислам ямаса дүньядағы гуманизмниң морали, коммунизм ямаса экзистенциализмниң тəлийматын үйренеди.
Бирақ бириншилер де, екиншилер де ара-тура болса да, Ийса ҳаққында оқыйды, Онда тəрийплеп жеткизиў қыйын болған Өзине тартыўшылық бар екенин ҳəм бул нəрсеге аңсат ғана қол силтеп кетиў қыйын екенин билип алады.
Солай етип, бизлер Насыралы Ийсаның тарийхый тулғасы ҳаққында сөз етиўди баслаймыз. Ол ҳақыйқаттан да өмир сүрди. Бул бойынша ҳеш қандай дəлиллей алатуғын гүманлар жоқ. Ийсаның тарийхта болғанын бутқа табыныўшы авторлар да, масихый авторлар да тастыйықлады.
Ийса ҳақыйқаттан да адам болып жасады. Ол басқа адамлар сыяқлы туўылды, ержетти, тер төгип мийнет етти, дем алды, уйықлады, ишип-жеди, азап шекти ҳəм өлди. Ол ҳақыйқый адамның денесине ҳəм ҳақыйқый адамның сезимлерине ийе еди.
Деген менен, бизлер Оның қандай да бир мəнисте Қудай болғанына ҳақыйқаттан да исене аламыз ба? Ийсаның Қудайлығы масихыйлар сүўретлеп жазған тек ескиликтиң қалдығы емес пе? Насыралы ағаш устасының Қудайдың жалғыз Улы екени ҳаққында масихыйлардың таң қаларлық исенимин тастыйықлаўшы қандай да бир гүўалық бар ма?
Бул — тийкарғы сораў болып, оннан қашып қутылыў мүмкин емес. Бизлер ҳақыйқатшыл болыўымыз керек. Егер Ийса адам денесиндеги Қудай болмаған болса, онда енди масихыйлық та жоқ болғаны. Олай болса, бизлерде тек əжайып идеяларға ҳəм жақсы моральға ийе болған жəне бир дин ғана қалады. Ал оның айрықша өзгешелиги жоқ болып кетеди.
Бирақ, Ийсаның қудайлық тəбияты ҳаққында жақсы, күшли, тарийхый ҳəм раўажланып атырған гүўалық бар. Ҳəр бир ҳақ адам өз ақыл-санасына қарсы бармай-ақ, бул гүўалықты тастыйықлап, қол қоя алады. Жəне де, бизлер Ийсаның Өзин сондай батыл ҳəм сондай кишипейил түрде айрықша қылып таныстырғанын билемиз. Ийса ҳеш нəрсе менен салыстырып болмайтуғын минез-қулыққа ийе еди. Оның күши, кишипейиллилиги, сөзсиз ҳақлығы, жумсақ кеўли, балаларға деген ғамхорлығы, кемситилгенлерге деген сүйиспеншилиги, мəртебеси ҳəм Өзин қурбан етиўи пүткил дүнья жүзин сүйсиндирди. Ол азаплы өлим көргени менен изсиз жоқ болып кеткени жоқ. Оның өлимнен қайта тирилгени ҳаққында жəрияланғаны исенимли гүўалық бола алады.
Айтайық, егер Ийса Қудайдың Улы болса, онда масихыйлықтың тийкарлары бул ҳақыйқатлықты тек қабыл етиў ғана бола ма? Яқ, бул да емес. Егер бизлер Ийсаның қудайлығына исенген болсақ, онда Оның ислерин де билип алыўымыз зəрүр. Ийса не ушын келди? Мухаддес Китап буған былай деп жуўап береди: «Ол бул дүньяға гүнакарларды қутқарыў ушын келди». Насыралы Ийса — биз гүнакарлар ушын керек болған, аспаннан келген Қутқарыўшы. Бизлер гүналарымыз себепли айырылып қалған ең мухаддес Қудайдан кеширим алыўымыз ҳəм Оған қайтыўымыз керек. Бизлер өз-өзимизди сүйиўден азат болыўымыз ҳəм өз идеалларымызға сай жасаўымыз ушын күш алыўымыз тийис. Бизлер бир-биримизди сүйиўди үйрениўимиз, достымызды да, душпанымызды да бирдей жақсы көриўимиз зəрүр. Анық усы нəрсе қутқарылыў дегенди аңлатады. Усы нəрсени Масих бизлер ушын Өз өлими ҳəм қайта тирилиўи арқалы қолға киргизди.
Олай болса, масихыйлықтың тийкары дүньяның Қутқарыўшысы болыў ушын келген Ийсаның Қудайдың Улы екенине исениўден ибарат болғаны ма? Яқ, бул да емес. Қудайлық тəбиятқа ийе болған Оған бойсыныў, адам сыпатында қутқарылыўға мүтəж екениңди мойынлаў ҳəм Масихтың қутқаратуғынына исениў де жеткиликли емес. Масихыйлық — бул тек исеним емес, ал ол ис-ҳəрекетти де нəзерде тутады. Бизлердиң ақыл-ойымыз бенен исениўимиз сыннан тысқары болғанлықтан, исенимимизди ислеримиз арқалы ҳəрекетке келтириўимиз керек.
Солай екен, бизлер не ислеўимиз керек? Бизлер өзлеримизди, жүрегимизди, ақыл-ойымызды, жанымызды, еркимизди, үйимизди ҳəм өмиримизди, яғный пүткил өзлигимизди Ийса Масихқа бағышлаўымыз тийис. Бизлер Оның алдында бойсыныўымыз зəрүр. Оған өз Қутқарыўшымыз сыпатында исениўимиз, Ийемиз сыпатында бойсыныўымыз, исениўшилер жəмəəтине садық ағза, ал дүньядағы жəмийетте жуўапкерли пуқара болыўымыз керек.
Масихыйлықтың тийкарлары ҳəм усы китаптың мазмуны-мине, усыннан ибарат. Бирақ, Ийса Масихтың қудайлығы ҳаққында гүўалықты қарап шығыўдан алдын, бул тақырыпты дурыс үйрениў бойынша кирисиў бөлими зəрүр болады. Масихыйлар Ийса Масихта Қудайды көриўге болады деп исенеди. Бул нəрсени қарап шығыўға Қудай бизлерди қалай излейтуғын болса, бизлер де оны солай излеўимиз тийис деген түсиник жəрдем береди.
1
Исенимли жантасыў
«Ең баста Қудай...». Мухаддес Китаптағы бул дəслепки үш сөз дүньяның жаратылыў тарийхына ямаса жаратылыс китабына кириспеден əҳмийетлирек. Бул бизлердиң Мухаддес Китапты толығы менен түсиниўимизге жəрдем бериўши гилт. Олар Мухаддес Китаптағы динниң Қудай басқаратуғын дин екенин айтады.
Қудайды албыратып таслаў, Оны алдын ала түсиниў қыйын. Ол бəрқулла биринши болып ҳəрекет етеди ҳəм бəрқулла басында жүреди. Қудай адам пайда болмастан алдын ҳəрекет еткен еди. Адам Қудайды излеў ушын ҳəрекетке келместен алдын, Қудай адамды излеген еди. Бизлер Мухаддес Китапта қармаланып, Қудайға қарай баратырған адамды емес, ал адамға қарай қолын созып турған Қудайды көремиз.
Көплеген адамлар Қудайды узақ жайласқан тахтта жайғасып отыратуғын, үнсиз, жат, басында өлим бар адамлар Өзин бир нəрсе ислеўге көндиргенге дейин, олардың мүтəжликлерине бийпəрўа қарайтуғын қылып көз алдыларына келтиреди. Бул — пүткиллей жалған көз-қарас. Мухаддес Китап Қудайды бизлерге былай ашып береди: адам еле қараңғылықта қалып, гүнаға батып жүргенде, Қудайға жүз бурыў оның басына еле кирип-шығыўдан көп алдын-ақ, Қудай Өз тахтынан турады да, даңқ-салтанатын қалдырып, адамды излейди ҳəм оны таппағанша, тынышланбайды.
Бул уллы, ҳəмме нəрседен бурын болатуғын Қудайдың ис-ҳəрекети көп нəрселер арқалы көринеди. Жаратылыс иси де Қудайдың басламасы менен болды. Ол жер жүзине ҳəм ондағы ҳəмме нəрсеге тиришилик инəм етти. «Ең баста Қудай аспан ҳəм жерди жаратты». Ол Өз басламасы менен адамзатқа Өз тəбиятын ҳəм еркин аян арқалы ашып берди: «Қудай əййемги заманларда пайғамбарлар арқалы көп мəртебе ҳəм ҳəр түрли жоллар менен ата-бабаларымызға сөйлеген еди. Ал бул соңғы ўақытларда болса, Қудай бизлерге Өз Улы Ийса арқалы сөйледи». Қудайдың Өзи баслама көтерип, Ийса Масих арқалы ер адамларды ҳəм ҳаялларды гүнадан қутқарыўға келди: «Қудай келип, Өз халқы ушын төлем төлеп, оны қутқарды» (Жар. 1:1; Евр. 1:1-2; Лука. 1:68).
Қудай жаратты. Қудай сөйледи. Қудай ис-ҳəрекет етти. Қудайдың үш түрли тараўда ислеген ис-ҳəрекети Мухаддес Китапта жəрияланған динниң қысқаша мазмунын тастыйықлаўдан ибарат. Бизлер бул китапта 2-ши ҳəм 3-ши тастыйықлаўларды қарап шығамыз. Себеби, негизинде масихыйлық Ийса Масихтың тарийхый тулғасынан басланады. Егер Қудай сөйлеген болса, онда Оның дүньяға айтқан соңғы ҳəм ең уллы сөзи Ийса Масих болды. Егер Қудай ис-ҳəрекет еткен болса, онда Оның ең жақсы иси-бул дүньяны Ийса Масих арқалы қутқарыўы болды.
Қудай Ийса Масих арқалы сөйледи ҳəм Ол арқалы ис-ҳəрекет етти. Ол бир нəрселерди айтты ҳəм бир нəрселерди иследи. Бул масихыйлық тек Қудайға байланыслы сөзлерден ибарат дегенди аңлатпайды. Жəне де, бул диний идеялардың ҳəм қағыйдалардың жыйнағы да емес. Павелдиң айтыўы бойынша: «Қудайдың Хош Хабары Өз Улы Ийса Масих ҳаққында. Ийса Масих — бизлердиң Ийемиз» (Рим 1:1-4). Бул — биринши гезекте адамды ис-ҳəрекет етиўге шақырыў емес, ал бизлер ушын Қудайдың Ийса Масих арқалы не ислегенин жəриялаўдан ибарат.
Қудай сөйледи
Адам баласы көп нəрселерди билиўге қатты қызығады. Оның сана-сезими усылай жаратылғанлықтан, ол тынышлана алмайды. Адам ҳəмме ўақытта таныс емес нəрселерге дыққат пенен нəзер салады. Ол таўсылмас күш-ғайрат пенен билим излейди. Адамның өмири — ашылыўлардан туратуғын саяхат. Ол бəрқулла сорайды, изертлейди, ашады, сер салып қарайды. Адам кишкене бала сыяқлы: «Неге?» деген сораўын қоймайды. Бирақ, адамның сана-сезими Қудайға қаратылса, ол не қыларын билмей қалады. Оның сана-сезими қараңғылықта қармаланып қалады, өз тереңликлеринде жəрдем күтип, тырбаңлайды. Бул таң қаларлық нəрсе емес. Өйткени, Қудай — шексиз, ал бизлер басында өлим бар адамлармыз. Қудай бизлердиң түсинигимизден тысқары болғанлықтан, бизлердиң эмпериялық илимлердиң пайдалы қуралы болған ақылымыз да бул жерде тез жəрдем бере алмайды. Бизлердиң ақылымыз Қудайдың шексиз сана-сезимине кирип бара алмайды. Ол жаққа апаратуғын текше де жоқ болып, тек ушы-қыйыры жоқ үлкен ағыс ғана бар. Аюптан: «Қудайдың терең ой-пикирлерин билип алыўға бола ма?» — деп сораған екен. Бул мүмкин емес.
Жағдайды жақсылаў ушын Қудайдың Өзи биринши болып ҳəрекет етпегенде, ҳəммеси солайынша қала берген болар еди. Адам баласы агностик болып қалып, Понтий Пилат пенен биргеликте: «Ҳақыйқат деген не?» — деп сораған, бирақ ҳеш қашан жуўабын тыңламаған, ҳəтте, жуўап аламан деп үмит етиўге батылы да бармаған болар еди. Адам Қудайға сыйынған болар еди, себеби бул оның тəбиятына тəн нəрсе. Бирақ, Афинадағы қурбанлық шалынатуғын орында жазылғандай, адамның барлық қурбанлық шалатуғын орынларында да «Бийтаныс Қудайға» деген жазыў болар еди.
Деген менен, Қудай сөйледи. Оның Өзи Өзин ашып бериўге қарар етти. Масихыйлықта ашып бериў доктринасы терең ақыл-даналыққа ийе. Қудай бизлердиң ақыл-ойымызға бизлер ушын жасырын болып қалыўы мүмкин болған нəрсени ашып берди. Оның ашып берген нəрсесиниң бир бөлегин бизлер тəбият арқалы көремиз.
«Аспан Қудайдың даңқын жəриялайды, Оның ислери ҳаққында жер мəлим етеди».
«Өйткени Қудай ҳаққында билиўге мүмкин болған нəрселер оларға (яғный, адамларға) белгили. Қудайдың Өзи оларға усыларды мəлим еткен. Дүнья жаратылғаннан бери Қудайдың көзге көринбейтуғын қəсийетлери, яғный шексиз қүдирети ҳəм қудайлығы Ол жаратқан барлықтан сезиледи. Солай етип, олар өзлерин ақлай алмайды».
Әдетте буны Қудайдың «улыўма» аяны деп атайды (себеби бул аян жер жүзиндеги барлық адамлар ушын арналған) ямаса ол «тəбийғый» аян деп те аталады (себеби ол тəбиятта). Деген менен, бул жеткиликли емес. Әлбетте, бизлер тəбият арқалы Қудайдың бар екенин ҳəм аз муғдарда болса да, Оның қудайлық күши, даңқы ҳəм садықлығы ҳаққында билип аламыз. Бирақ, егер адамға Қудайды анық билиў керек болса, онда оған кеңирек ҳəм ҳəрекет етиўши аян зəрүр болады. Қудай Өзин ашып бергенде, Ол Өзиниң мухаддес екенлигин, сүйиспеншилигин ҳəм гүналардан қутқаратуғын бийликке ийе екенин де билдиреди. Қудай буларды қуўанышлы түрде иследи. Бул «айрықша» аян болып табылады. Өйткени, ол таңланған халық болған Израил халқы ушын таңланған адамлар болған Ески Келисимдеги пайғамбарлар ҳəм Жаңа Келисимдеги елшилер арқалы билдирилди.
Жəне де, бул аян «ғайрытəбийий» аян болып та есапланады, себеби ол «руўхландырыў» арқалы берилип, Ийсаның Өзи ҳəм ислери арқалы ашылды. Бундай аянды түсиндириў ҳəм сүўретлеў ушын Мухаддес Китап Қудайдың не айтқаны ҳаққында «сөз» етеди. Бизлер бир-биримиз бенен сөйлесиў арқалы аңсат қарым-қатнас жасаймыз. Сөзлеримиз арқалы сана-сезимимизди ашамыз. Бул нəрсе бизлердиң шекленген ақылымызға Өзиниң шексиз ақылын ашып бериўди қəлеген Қудайды ойлағанымызда еле де түсиниклирек болады. Өйткени, Ийшая пайғамбардың сөзлери бойынша, Қудай жерден қəншелли бийик болса, Қудайдың ақыл-ойлары да бизлердикинен соншелли жоқары. Егер Қудай Өз ойларын сөзлери арқалы билдирмегенде, бизлер оларды биле алмаған болар едик. Солай етип, Ийемиздиң сөзлери көп пайғамбарларға Ийса Масих келиўге дейин келип турды. «Сөз адам болып арамызда жасады» (Юх 1:1, 14). Сол тəризде Павел де Коринфтеги исениўшилер жəмəəтине: «Себеби дүньяның өз ақыл-даналығы менен Қудайды билмеўи Қудайдың даналығы бойынша болды. Сонлықтан, Қудай исенген адамларды ақылсыз деп саналған бизлердиң ўазымыз бенен қутқарыўды мақул көрди», — деди. Адам Қудайды өз даналығы менен емес, ал Қудайдың сөзи арқалы билип алады ҳəм адамның ақылы менен емес, ал Қудайдың аяны арқалы билип алады. Павелдың Арес төбесинде афиналыларға айтқанындай, Қудай Өзин Масих арқалы билдиргени себепли масихыйлар да батыл түрде ҳүким етип, былай деп айта алады: «Өзлериңиз билмей сыйынып жүрген усы Қудай ҳаққында сизлерге жəриялайжақпан».
Бул тастыйықлаў дурыс баҳаланбағаны себепли илим ҳəм дин арасында көп қарама-қарсылықлар пайда болды. Дин тараўында эмпериялық жантасыўды улыўма қолланыўға болмайды. Илимий билимлер бақлаў ҳəм тəжирийбе жəрдеминде алға илгерлейди. Бул билимлер бес физикалық сезим арқалы келетуғын мағлыўмат пенен жумыс ислейди. Деген менен, бизлер метафизикалық тараўға қарасақ, тез мағлыўмат ала алмаймыз. Ҳəзир Қудайды қол менен услап көриўге, көз бенен көриўге ямаса еситиўге болмайды. Бирақ, бир ўақытлары Қудай сөйлеўге қарар етип, көриўге ҳəм еситиўге болатуғын денеде болыўды шешкен еди. Юхан өзиниң биринши хатын былай деп баслады: «Ең бастан бар болған өмир Сөзи ҳаққында: Оны еситкенимизди, өз көзлеримиз бенен көргенимизди ҳəм анықлап көрип, Оған қолларымызды тийгизгенимизди сизлерге жəриялап атырмыз ҳəм Ол туўралы гүўалық берип атырмыз» (Юх 1-х 1:1-2).
Қудай ҳəрекет етти
Масихыйлық Хош Хабар Қудай сөйледи деген тастыйықлаўға туўры келмейди, ол Қудай ҳəрекет етти деген тастыйықлаўды мақуллайды.
Адам баласы мүтəж болғанлықтан, Қудай еки тараўда да Өзи ҳəрекет етти. Өйткени, бизлер сада болып қалмай, гүнакармыз да. Солай етип, Қудай Өзин бизлердиң садалығымызды ашып бериў ушын аян етиўи шəрт емес еди. Бизлерди гүналарымыздан қутқарыў ушын, Ол бир нəрсе ислеўи тийис еди. Қудай буны Ески Келисим заманында-ақ баслаған еди. Ибрайымның өзинен ҳəм урпақларынан бир халықты пайда етиў ушын оларды Мысырдағы қулшылықтан қутқарып, Синай таўында келисим дүзиў ушын, оларды шөл арқалы ўəде етилген жерге апарып, Өзи таңлаған халық сыпатында оларды баслап жүриў ҳəм үйретиў ушын, Қудай Ибрайымды Ур қаласынан шақырып алған еди.
Бирақ, булардың ҳəммеси Қудайдың Масих арқалы уллы қутқарыў исиниң таярлығы ғана болды. Адамды Мысырдағы қулшылықтан ямаса Бабилондағы сүргиннен емес, ал гүнаның сүргининен ҳəм қулшылығынан қутқарыў керек еди. Мине, сол себептен Ийса Масих келди. Ол Қутқарыўшы болып келди.
«Сен Оның атын Ийса деп қоясаң, себеби Ол Өз халқын гүналарынан қутқарады».
«Масих Ийса бул дүньяға гүнакарларды қутқарыў ушын келди, деген сөзлер исенимли ҳəм ҳəмме адамлар тəрепинен қабыл қылыныўға ылайықлы сөзлер».
«Себеби Адам Улы адасқанларды таўып, қутқарыў ушын келди».
Ол сүриўиндеги бир қойды излеп таппағанша, тынышланбайтуғын шопан еди (Лука 15:3-7).
Масихыйлардың дини-бул қутқаратуғын дин. Масихый емес динлер гүнакарларды сүйген, олар ушын дүньяға келип, Өз жанын берген Қудай ҳаққында айтылған хабар менен теңлесиўге ҳəлсизлик етеди.
Адамның жуўабы
Қудай сөйледи. Қудай ҳəрекет етти. Бул сөзлер ҳəм ислер ҳаққында жазылған ҳəм түсиндирилген сөзлерди Мухаддес Китаптан излеўимиз тийис. Көп адамлар ушын олар еле сол жерде. Қудай не айтқан ҳəм не ислеген болса да, өткен күнлерде айтты ҳəм иследи. Олар өтмиштен ҳақыйқый тəжирийбеге, Мухаддес Китаптан өмирге өтпеди. Қудай сөйлеген еди, бирақ бизлер Оны тыңладық па? Қудай ҳəрекет еткен еди, бирақ бизлер Ол ислеген нəрселерден бир нəрсе алдық па?
Бизлердиң не ислеў кереклигимиз туўралы кейин ала усы китаптан түсиндирме аламыз. Ҳəзир тек бир нəрсе ғана айта аламыз: бизлер излеўимиз керек. Қудай бизлерди изледи. Ол еле де бизлерди излемекте. Бизлер оны излеўимиз тийис. Қудайдың адамға деген баслы өкпеси — бул адамның Қудайды излемегенинен ибарат.
«Жаратқан Ийе аспаннан адамларға қарады: олардың арасында саналы ҳəм Қудайды излеўшилер бар ма екен деп, көрмекши болды. Ҳəмме жолдан адасқан, барлығы жарамсыз болған, жақсылық ислеўши ҳеш ким жоқ, бирде биреўи жоқ».
Деген менен, Ийса: «Излеңлер, табасызлар», — деп жəриялаған еди. Егер излемесең, ҳеш қашан таба алмайсаң. Шопан жойтылған қойын таппағанша, излей берген еди. Ҳаял да жойтылған теңгесин таппағанша, излей берген еди. Бизлер неге ҳеш қандай тəшиўишленбесек те болады, деп ойлаймыз? Қудай Өзин тапқанды, тек Оны излегенлердиң ғана тапқанын қəлейди.
Излегенде жан-тəнимиз бенен излеўимиз зəрүр. «Адам қəншелли батыл болса, ол соншелли ериншек болады», — деп жазған еди Эмерсон. Деген менен, булардың ҳəммеси соншелли əҳмийетли болғанлықтан, бизлер өзимиздиң тəбийғый ериншеклигимизди, бийпəрўалығымызды жеңип, өз ақыл-ойымызды излеўге бағышлаўымыз керек. Қудай бийталапларға онша сабырлы емес. «Оның Өзин излегенлерди сыйлықлайтуғынына исениў тийис» (Еврейлерге хат 11:6).
Излегенде кишипейиллик пенен излеўимиз тийис. Биреўлерге излегенде бийпəрўалық иркиниш жасаса, ал басқалар ушын үлкен ҳəм кең тарқалған иркиниш — бул менменлик болады. Бизлер ақыл-ойымыздың шекленгенин, Қудайдың Өзи бизлерге Өзин ашып бермесе, ақыл-ойымыздың бир ҳəрекет пенен Қудайды аша алмайтуғынын мойынлаўымыз керек. Бизлер рационал түрде пикир жүргизиўди иркиўимиз тийис демекши емеспен. Керисинше, Забурдағы бир жыршының буйырғанындай, бизлер пəмсиз ат ямаса ғашырға уқсап қалмаўымыз тийис. Бизлер өз ақыл-ойымызды иске салыўымыз, бирақ оның шекленгенлигин тəн алыўымыз зəрүр. Ийса былай деген еди:
«О, Әке, аспан ҳəм жердиң Ийеси! Буларды даналардан ҳəм ақыллылардан жасырып, нəрестедей адамларға ашып билдиргениң ушын, Сени мақтайман».
Ийсаның балаларға деген сүйиспеншилигиниң бир себеби усы. Балаларды үйретсе болады. Олар менмен, даңқпараз ҳəм сыншыл емес. Бизлер кишкене балаларға тəн болған ашық кишипейил ҳəм тез қабыл еткиш ақылға ийе болыўымыз керек.
Излегенде ҳадаллық пенен излеўимиз тийис. Қудай Өз аянын менменсинбей, екиленбей, кишипейиллик ҳəм тынық ақыл менен билдиреди. Ҳəр бир оқыўшы жаңа пəнге өзинде əлле-қашан қəлиплескен көз-қарас пенен жантасыў қəншелли қəўипли екенин биледи. Деген менен, көп излеўши адамлар Мухаддес Китапты үйрениўге келгенде, өзлери қабыл еткен шешимлерин тасламаған болады. Бирақ, тек ҳақыйқаттан излегенлерге ғана Қудай Өз ўəдесин берген. «Мени излеңлер, табасызлар. Мени шын жүректен излесеңлер ғана табасызлар» (Еремия 29:13). Демек, өз ой-пикирлеримизди қойып, масихыйлықтың ҳақыйқат екенлигин өз ақыл-ойымыз бенен ашыўымыз зəрүр.
Излегенде бойсынып излеўимиз керек. Бул талапты орынлаў ҳəммесинен қыйын. Қудайды излегенде тек өз идеяларыңды қайта көрип шығыўға емес, ал өз өмириңди өзгертиўге де таяр турыўың тийис. Масихыйлық хабарда моральлық шақырық бар. Егер хабар ҳақыйқат болса, онда шақырықты қабыл етиў зəрүр. Қудай адам бақлайтуғын қолайлы объект емес. Қудайды микроскоп астына қойып, я болмаса Оған телескоп арқалы қарап: «О, қандай қызық!» — дей алмайсаң. Қудай қызықлы емес. Ол қатты қапа қыла алады. Ийса Масих ҳаққында да солай айтсақ болады.
«Бизлер Оған сана-сезимимиз арқалы қараймыз, бирақ Оның бизлерге руўхый жақтан қарайтуғынын көремиз. Бизлер роль аўмастық. Бизлер Аристотельди үйренгенимизде, ол бизлерге ақыл-сана бойынша нəсият береди. Ал, бизлер Ийсаны үйренгенимизде, өзлеримиздиң руўхый жақтан терең тынышсызлыққа түсетуғынымызды сеземиз. Сонда бизлер ишимизден усы Ийсаға деген жүрегимиздиң ҳəм еркимиздиң шешимин қабыл етиўимиз керек болады. Адам Ийсаны ақыл — ойының ғəрезсизлиги менен үйренсе болады, бирақ ол моральлық жақтан бийтəреп болып қала алмайды. Бизлер кимниң байрағы астында жүрис баслағанымызды жəриялаўымыз тийис. Буған Ийса менен туўрыдан-туўры қарым-қатнас жасасақ ғана ерисемиз. Бизлер тыныш билим алып баслаған едик, ал енди бизлерди моральлық шешим қабыл етиўге шақырмақта».
Демек, Ийса исенбейтуғын еврейлерге қарата сөйлегенде, усыларды нəзерде тутқан еди. Ийса былай деген еди: «Ким де ким Қудайдың еркин орынлағысы келсе, бул тəлийматтың Қудайдан ба ямаса Мен Өзлигимнен айтып атырман ба, билип алады» (Юхан 7:17).
Бул ўəде түсиникли. Бизлер Масих ҳақыйқый болды ма, я жалған ба, Оның тəлийматы адамдики болды ма, я Қудайдики болды ма, буны билип алыўымызға болады. Деген менен, бул ўəде моральлық талапқа тийкарланған. Бизлер тек исенип ғана қоймай, бойсыныўға да таяр турыўымыз тийис. Қудай бизлерге еркин ашып бергенде, оны орынлаўға таяр турыўымыз зəрүр.
Мениң еле есимде, бир күни маған жақында ғана мектепти питкерип, Лондонда ислеп атырған бир жас жигит келди. Ол маған исениўшилер жəмəəтине барыўды тоқтатқанын, себеби исеним белгилерин айтқан ўақытта өзин еки жүзлидей сезетуғынын айтқан еди. Жигит енди бул нəрсеге исенбейтуғын еди. Ол сөзин тамамлағанда, мен оған: «Егер мен сизиң сораўларыңызға жуўап берип, сизиң сана-сезимиңизди толық қанаатландыра алсам, сиз өз өмириңизди өзгертиўди қəлер ме едиңиз?» — дедим. Ол зорға жымыйып, қызарып кетти. Негизинде оның машқаласы сана-сезимине емес, ал руўхына байланыслы еди.
Демек, бизлер усы тəризде излеўимизди даўам етиўимиз керек. Бизлер бийпəрўалықты, менменликти, өзимизде бар болған көз-қарасымызды ҳəм гүнамызды таслап, изи не менен жуўмақланыўына қарамастан, Қудайды излеўимиз тийис. Ҳəрекет етип излеўде ең ишинде еки соңғы иркиништи жеңип өтиў қыйын. Булар — сана сезим бойынша көз-қарас ҳəм руўхый еркинлик. Бул еки иркиниш те қорқыныш əкеледи, ал қорқыныш — ҳақыйқаттың баслы душпаны. Қорқыныш бизлердиң излеўимизди тоқтатып таслайды. Ийса Масихты излеў ҳəм Оны қабыл алыў айтарлықтай қолайсызлықлар əкелетуғынын билемиз. Бизлерге өмирге деген көз-қарасымызды пүткиллей өзгертиўимизге ҳəм жаңа өмир тəризине бейимлесиўимизге туўра келеди. Сана-сезим ҳəм руўхый жақтан болған қорқақлық бизлерди екилениўге мəжбүрлейди. Бизлер излемегенимиз себепли таппаймыз ҳəм табыўды қəлемегенимиз себепли излемеймиз. Бир нəрсени табыўды қəлемейтуғын болсақ, ең жақсы жолы — бул излемеў.
Қəтелесиўиңиз мүмкин екенин ойлап көриң. Масих ҳақыйқый болыўы мүмкин-ғо, ақыры! Егер сиз Қудайды кишипейил, ҳадал ҳəм бойсынған ҳалда излеўди қəлемесеңиз, онда Өзиниң Қудайдың аяны екенин тастыйықлаўшы китапты оқып көриң. Әсиресе Ийса Масихтың өмири туўралы гүрриң етиўши төрт Хош Хабарды оқып көриң. Оған сиз бенен ушырасыўға ҳəм Өзиниң ҳақыйқый екенин көрсетиўге мүмкиншилик бериң. Ақыл-ойыңыз ҳəм қəлеўиңиз бенен толық түсинип, егер Қудай исендирсе, исениўге ҳəм бойсыныўға таяр болып келиң. Марк жазған ямаса Юхан жазған Хош Хабарды оқып көрсеңиз қалай болар екен? Толық тəсирлениў ушын, олардың қəлеген биреўин бир отырғанда оқып шығыўға болады (жақсысы, ҳəзирги заман аўдармасын оқығаныңыз дурыс). Соңынан жəне қайталап оқыса болады. Бирақ əсте, күнине бир баптан оқыў тийис. Мысалы, оқыўдан алдын былай деп дуўа етсеңиз болады:
«Қудай, егер сен бар болсаң (мен буны билмеймен) ҳəм егер сен мениң дуўамды еситип турған болсаң (мени еситип турсаң ба, мен буны да билмеймен) мен растан-ақ ҳақыйқатлықты излеп атырғанымды саған айтқым келеди. Ийсаның Сениң Улың ҳəм дүньяның Қутқарыўшысы екени рас болса, маған буны көрсет. Егер сен мени усыған исендирсең, мен Оған өз Қутқарыўшым сыпатында исенемен ҳəм Оған өз Ийем сыпатында еремен».
Усылай дуўа еткени менен ҳеш ким түңилип қалмайды. Қудай адамның алдында қарыздар емес. Ол ҳадаллық пенен излеўди ҳүрмет етеди ҳəм Өзин ҳақыйқаттан излегенлерге сыйлық береди. Масихтың ўəдеси жүдə əпиўайы: излеңлер, табасызлар.
I
МАСИХТЫҢ ӨЗЛИГИ
2
Масих Өзин ким деп жəриялады?
Бизлер əлле-қашан көргенимиздей, егер тапқың кел се, излеў керек екен. Излеўди қай жерден баслаў тийис? Масихыйлар буған, излеўди Насыралы Ийсаның тарийхый тулғасынан баслаў зəрүрлигин айтады. Өйткени, егер Қудай сөйлеген ҳəм ҳəрекет еткен болса, Ол буны толық ҳəм минсиз түрде Ийса Масих арқалы иследи. Тийкарғы сораў мынадай болды: «Насыралы ағаш устасы Қудайдың Улы болған ба еди? Масихыйлықты үйрениўди Масихтан баслаўдың еки баслы себеби бар. Бириншиси, масихыйлық негизинде Масихтың Өзи. Масихтың Өзи ҳəм Оның ислери — бул масихыйлық дин тийкарланған күш. Егер Масих Өзин ким деп жəриялаған болса, анық сол болмаса, Ол ислеў ушын келген исин ислемеген болса, онда тийкар бузылады ҳəм пүткил имарат қулайды. Егер масихыйлықтан Масихты алып тасласаңыз, ол қаңырап, бос қалады. Масих — масихыйлықтың орайы болып, ҳəмме нəрсе Оның əтирапына қуралады. Бизлер ҳəзир Масихтың философиясының келип шығыўын, Оның системасының баҳалығын ямаса этикасының сыпатын талқылап отырмаймыз. Бизлерди биринши гезекте Масихтың Өзлиги қызықтырады. Ол ким болған?
Екиншиден, егер Ийса Масих бизлердиң алдымызда айрықша қудайлық Өзлиги менен геўделенсе, онда басқа көплеген машқалалар тəбийғый жол менен шешиле береди. Егер Ийса Қудайдан болса, онда Қудайдың бар екени дəлийлленип, оның минез-қулқы ашылған болады. Бизлер адамның тəғдири ҳəм жазмышы, өлимнен кейинги өмири, Ески Келисимниң мақсети ҳəм абройы, атанақ ағаштың əҳмийети ҳаққында сораўларға жуўаплар ала баслаймыз. Өйткени, Ийса усылар ҳаққында айтқан еди. Егер Ол Қудай болса, онда Оның тəлийматы да ҳақыйқый болыўы керек.
Солай етип, бизлердиң изертлеўлеримиз Ийса Масихтан басланыўы тийис. Оны билип алыўымыз ушын Хош Хабарларды оқыўымыз тийис. Ҳəзирше оларға руўхландырылған Мухаддес Жазыўлардың бир бөлеги деп қараў шəрт емес. Оларға тарийхый ҳүжжетлер деп қараўдың өзи жеткиликли болады. Олардың тарийхый ҳүжжетлер екени сөзсиз. Ҳəзир бизлер олардың əдебий келип шығыўы бойынша сораўды қарап шыға алмаймыз (Жаңа Келисимниң ҳақыйқыйлығы ҳаққында Ф. Ф. Брюстиң «Жаңа Келисимниң ҳүжжетлери: олар ҳақыйқый ма?» — деген китапты көриң. Бесинши басылым, 1990). Бизлерге тек Жаңа Келисимниң авторларының ҳəммеси масихый болғаны, масихыйлардың ҳадал адамлар екени ҳəм Жаңа Келисимниң мазмуны анық сүўретлемелер ҳəм тири гүўалардың тəсирлеринен ибарат екени ҳаққында атап өтиў жеткиликли болады. Деген менен, бизлер ҳəзирше Хош Хабарларға Ийсаның өмири ҳəм тəлийматы жазылған тийкарлы ҳəм анық жазбалар сыпатында қараймыз. Усылай ис тутып, келип шығыўы гүман туўғызатуғын қандай да бир текстлерге тийкарланбаймыз. Бизлер улыўма ҳəм əпиўайы жерлерге көбирек итибар аўдарамыз.
Бизлердиң мақсетимиз — гүўалық келтирип, Ийсаның Қудайдың Улы екенин дəлийллеўден ибарат. Бизлерди Оның Қудайлығы ҳаққында белгисиз жəриялаўлар қанаатландырмайды: бизлер Оның Қудайлық тəбиятын анықлаўымыз зəрүр. Бизлер Оның басқа ҳеш кимге тəн болмаған Қудай менен мəңги ҳəм негизги байланысқа ийе екенине исенемиз ҳəм Оны адамның нықабын кийип алған Қудай ямаса Қудайдың қəсийетлерине ийе болған адам деп есапламаймыз. Бизлер оны ҳəм Қудай, ҳəм адам деп билемиз. Исенимимиз кəмил, Ийса еки анық ҳəм минсиз тəбиятқа ийе болған тарийхый тулға еди. Яғный, ол қудайлық ҳəм адамыйлық тəбиятқа ийе болғанлықтан, минсиз ҳəм мəңгилик қайталанбас болды. Тек усындай жағдайда ғана Оған сүйсинип, алдында бас ийиўимизге Ол ылайықлы болады.
Гүўалық кем дегенде үш бөлимнен турады:
1. Оның Өзин ким деп жəриялаўы;
2. Оның қандай минез — қулық көрсеткени;
3. Оның өлимнен қайта тирилиўи.
Ҳеш бир дəлийл өзлигинен жуўмақ шығарыўға жəрдем бермейди. Бирақ, үш гүўалық жəмленип, бир жуўмаққа əкеледи.
Солай етип, биринши гүўалық — бул Масихтың Өзиниң тастыйықлаўы. Архиепископ Уильям Гемплдиң сөзине қарағанда: «Жасағаны ҳаққында қандай да бир гүўалық болған сол Масихтың таң қаларлық мəлимлемелер билдириўши əжайып Тулға екенлиги ҳəзир тəн алынды». Әлбетте, ҳақ-ҳуқықын талап етиўдиң өзи гүўалықтан ибарат емес. Бирақ, бизлердиң алдымызда түсиндириўди талап ететуғын қубылыс турыпты. Анығырақ болыў ушын, төрт түрли ҳақ-ҳуқықты талап етиў ҳаққында түсиник беремиз.
Оның Өзине бағдарланған тəлийматы
Ийсаның тəлийматындағы ең таң қаларлық нəрсе — бул Оның Өзи туўралы айтыўы. Дурыс, Ол Қудай Әке ҳəм Қудайдың Патшалығы ҳаққында көп айтқан еди. Бирақ, кейин усыларға қосымша қылып, Өзиниң Қудайдың Улы екенин ҳəм Патшалықты мийрас етип алыў ушын келгенлигин де айтқан еди. Адамлардың Патшалыққа кириўи Ийсаның сөзин қалай қабыл еткенине байланыслы еди. Ийса ҳеш екиленбестен, Қудайдың Патшалығын Өзиниң Патшалығы деп атады.
Ийсаның тəлийматының Өзине бағдарланыўы Оны дəрҳал дүньядағы басқа уллы диний муғаллимлерден айрықша қылып қояды. Сол муғаллимлер өзлерин тəн алған жоқ еди. Ал, Ийса Өзин ҳəммеден биринши қылып қойды. Сол муғаллимлер адамларға қандай да бир бағдарды көрсетип: «Мен көрип турған ҳақыйқат мынаў. Оған хызмет етиңлер», — деген еди. Ал Ийса: «Мен — Ҳақыйқатпан, Мениң изиме ериңлер», — деген еди. Этникалық динлердиң тийкарын салыўшылардың ҳеш бириниң де бундай сөзлерди айтыўға батылы бармаған еди. Бизлер Ийсаның сөзлерин оқығанымызда, «мен» деген алмасық дыққатымызды өзине тартады.
«Мен — өмир наныман. Маған келген адам ҳеш қашан аш болмайды ҳəм Маған исенген адам ҳеш қашан шөллемейди».
«Мен — дүньяның нурыман. Ким де ким маған ерсе, қараңғылықта жүрмейди, ал өмир нурына ийе болады».
«Мен — қайта тирилиў ҳəм өмирмен. Маған исенген адам өлсе де, жасайды. Маған исенип жасап атырған адам ҳеш қашан өлмейди».
«Мен — жол, ҳақыйқат ҳəм өмирмен. Мен арқалы болмаса, ҳеш ким Әкеге бара алмайды».
«Ҳəй, шаршап аўыр жүк басқанлар, ҳəммеңиз Маған келиңлер! Мен сизлерди рəҳəтлендиремен. Мойынтырығымды салып, Меннен үйрениңлер».
Ийсаның тəлийматының биринши бөлиминдеги əҳмийетли сораў мынадай болды: «Ал сизлер Мени ким деп санайсызлар?» Ийса Өзин көрип, Ибрайымның қуўанғанын, Муўсаның Өзи ҳаққында жазғанын, Мухаддес Жазыўда Өзи ҳаққында гүўалықлар жазылғанын, ал Ески Келисимдеги үш үлкен бөлимниң ҳəммесинде де, яғный Нызам, пайғамбарлар ҳəм жазбаларда Өзине байланыслы нəрселер айтылғанын тастыйықлады (Марк 8:29; Юхан 8:56; 5:46; 5:39; Лука 24:27, 44).
Лука Ийсаның Өз аўылы Насырадағы мəжилисханаға барғанын толық етип сүўретлейди. Сонда Ески Келисимдеги Мухаддес Жазыўды оқыўы ушын, Ийсаға оралған қағаз берилгенде, Ол оқыў ушын орнынан турды. Бул Ийшая пайғамбардың китабынан алынған мына үзинди еди:
Ийса китапты жаўды да, оны хызметкерге берип, орнына отырды. Мəжилисханадағы ҳəмме адамлар Оған тигилип қалды. Ийса үнсизликти мына əжайып сөзлер менен бузып: «Сизлер еситкен усы Мухаддес Жазыўлар орынланды», — деди. Басқа сөз бенен айтқанда: «Ийшая Мен туўралы жазған еди», — деди.
Ийса Өзи туўралы усындай пикирге ийе бола тура, адамларды Өзине шақырыўы таң қаларлық нəрсе емес. Негизинде, ол тек шақырып ғана қоймай, буйрық берип; «Маған келип, изиме ериңлер», — деген еди. Егер адамлар Өзине келсе, жəбир шеккенлердиң жүгин жеңиллетиўге, аш адамларға азық бериўге ҳəм шөллеген адамның шөлин қандырыўға ўəде еткен еди. Кейин ала Оның изине ериўшилер Оған бойсыныўы ҳəм Ол ҳаққында адамлар алдында гүўалық бериўи тийис еди. Ийсаның шəкиртлери Оның ҳуқықларын мойынлады. Павел, Петр, Яқып ҳəм Яҳуда хатларында өзлерин қуўанышлы түрде Оның қуллары деп жəриялады.
Жəне де, Ийса заманласларына Өзин олардың исениўи ҳəм сүйиўи тийис болған объект сыпатында усынды. Адамға Қудайға исениў тəн нəрсе болса да, Ийса Өзине исениўге шақырады. «Қудайға унайтуғын ис — Оның Жибергенине исениў». Егер Ийсаға исениў — адамның баслы ўазыйпасы болса, Оған исенбеў-ең қорқынышлы гүна. (Юхан 6:29, 3:36, 8:24, 16:8,9).
Биринши ҳəм баслы буйрық Қудайды пүткил жүрегиң, жаның ҳəм ақыл-ойың менен сүйиў кереклигин айтады. Деген менен, Ийса адам биринши гезекте Өзин сүйиў кереклигин, усыған Ол ҳақылы екенин айтты. Ата-анасын, улын ямаса қызын Меннен артық көрген ҳəр бир адам Маған ылайықлы емес деген еди Ийса. Айырмашылықты салыстырыў арқалы көрсетиў ушын, Ийса еврейше усыл қолланып, былай деп қосып қойған еди: «Ким де ким Маған келип, ата-анасын, ҳаялын, балаларын, аға-инисин, апа-қарындасларын, ҳəтте, өз өмирин де жек көрмесе, ол Мениң шəкиртим бола алмайды». (Матта 10:37; Лука 14:26).
Ийса Қудайдың иске асырмақшы болған нийетли исинде Өзиниң баслы рольди ойнайтуғынына соншелли исенгенликтен, Өзи аспанға кеткеннен соң, орнын ийелейтуғын биреўди жибериўге қарар етти. Бул — Мухаддес Руўх еди. Масих Оны Жубатыўшы деп атаўды унататуғын еди. «Жубатыўшы» сөзи грек тилинде юридикалық термин болып, адвокат, қорғаўшы дегенди аңлатады. Мухаддес Руўхтың ўазыйпасы Ийсаның исин дүнья алдында қорғаўдан ибарат. «Ол Мен туўралы гүўалық береди. Ол Мени уллылайды. Өйткени, Меникинен алып, сизлерге билдиреди», — деген еди Ийса (Юхан 15:26, 16:14). Солай етип, Мухаддес Руўхтың дүньяға берген гүўалығы ҳəм исениўши жəмəəтлерге арналған аяны Ийса Масих туўралы болады.
Руўхландырыўшы сəтлердиң биринде Ийса Өзи ҳаққында өзимшиллик пенен: «Мен жерден жоқарыға көтерилгенимде, ҳəмме адамларды Өзиме тартаман», — деп болжаған еди. (Юх 12:32). Ийса ер адамлар ҳəм ҳаяллар ушын келешекте атанақ ағаштың руўхый магнетизм болатуғынын билген еди. Бирақ, Ийсаның сөзлери бойынша адамлар биринши гезекте Қудайға, исениўшилер жəмəəтине, ҳақыйқатқа ямаса ҳақлыққа емес, ал Оның Өзине умтылады. Улыўма алғанда, адамлар булардың ҳəммесине тек Оған келсе ғана ерисе алады.
Усы тəлиймат ийесиниң өзине бағдарланған тəлийматтағы ең əжайып нəрсе — бул кишипейилликти үгитлеўшиниң усылай тəлим бериўи болды. Ийса шəкиртлерин өзимшиллиги ушын айыплайтуғын еди, олардың уллы болыўды қəлеўи Оны шаршататуғын еди. Бирақ, Ийса Өзиниң үйреткенлерине əмел қылатуғын ба еди? Ол кишкене бир баланы үлги сыпатында ортаға турғызып қойған еди. Ал, Оның Өзи ушын басқа нəрсе үлги болды ма?
Оның туўрыдан-туўры ҳақ-ҳуқықларын талап етиўи
Ийсаның Өзин Ески Келисим пайғамбаршылық етип айтқан Масих деп есаплағаны анық. Ол пайғамбарлардың əўладлар даўамында болжап келген Қудайдың Патшалығын орнатыў ушын келген еди.
Бир əҳмийетли нəрсе сол, Ийсаның адамларға айтқан ўазындағы биринши сөзи «орынланды» деген сөз болды. Ал, Оның биринши гəпи мынадай болды: «Ўақыт болды, Қудай Патшалығы жақынлады» (Марк 1:15). Ол Адам Улы деген дəрежени қабыл етти. Бул дəреже Даниел пайғамбардың бир аянынан алынған ҳəм ҳəмме тəрепинен қабыл етилген Масихтың дəрежеси еди. Ал, бас руўханий менен сөйлескенде, Ийса «Қудайдың Улы» деген атты қабыл етти. Бул Забур 2:7-ден алынған Масихтың жəне бир дəрежеси еди. Ийса Өз хызметин Қудайдың хызметшиси сыпатында азап шегиўден ибарат деп билди. Бул Ийшая пайғамбардың китабының соңғы бөлиминде сүўретленген еди. Ийсаның он еки шəкиртине үйреткен тəлийматының биринши бөлиминиң соңы Филип Кесариясында болған ўақыя менен жуўмақланады. Онда Симон Петр Ийсаның Масих екенине исенетуғынын мойынлайды. Мүмкин, басқалар Ийсаны пайғамбарлардың бири деп қабыл еткен болса керек, бирақ Симон пайғамбарлар Оны ким деп көрсеткен болса, сол деп қабыл етти (Марк 14:61-62; 8:27-29 қараң).
Ийсаның пүткил хызмети усы орынланыў сезими менен толтырылған. Күнлердиң биринде шəкиртлери менен аўлақта қалғанда, Ийса оларға: «Сизлердиң көрип атырғаныңызды көрип турған көзлер бахытлы! Мениң сизлерге айтатуғыным: қаншама пайғамбарлар менен патшалар сизлердиң көргенлериңизди көргиси келген еди, бирақ көрмеди. Еситкенлериңизди еситкиси келген еди, бирақ еситпеди» (Лука 10:23; Матта 13:16-17).
Бул бизлер қарап шығып атырған туўрыдан-туўры ҳақ-ҳуқықларын талап етиў Ийсаның тек Масих болғанына емес, ал Оның Қудайлық тəбиятына да байланыслы. Оның Өзи Масих деген дəрежеге қарағанда, Қудайдың Улы деген дəрежеге көбирек умтылды. Бул тастыйықлаў Ийсада болған Қудай менен сол айрықша ҳəм мəңгилик байланысты сүўретлейди. Усы ҳақ-ҳуқықты талап етиў бойынша үш мысал келтириўге болады.
Бириншиден, Ийсаның Өзи бəрқулла айтқанындай, Оның Қудай менен Әке сыпатында тығыз байланысын көремиз. Ийса он еки жаста-ақ жердеги ата-анасын аспандағы Әкесиниң исине Өзиниң қəншелли умтылғаны менен таң қалдырды. Ол келеси сөзлерди айтқан еди:
«Әкем усы күнге дейин мийнет етип киятыр. Мен де мийнет етип атырман».
«Мен ҳəм Әкем бирмиз».
«Мениң Әкеде, Әкениң Менде екенине исенбейсең бе?»
Ҳақыйқаттан да, Ийса Өз шəкиртлерин Қудайға Әке сыпатында қараўға үйретти. Деген менен, Масихтың Қудайға деген перзентлик қатнасығы менен бизлердиң қатнасығымыздың арасында үлкен парқ бар. Сол себептен Ийса бул айырмашылықты атап өтпей тура алмады. Ийса ушын Қудай — «Мениң Әкем». Сонлықтан Ол магдалалы Мəриямға: «Мениң Әкемниң ҳəм сизлердиң Әкеңиздиң алдына көтерилип баратырман», — деген еди. Ийса Мəриямға: «Мен
Жоқарыдағы аятлар Юхан жазған Хош Хабардан алынған болып, Ийса Матта жазған Хош Хабарда да (11:27) Әкеси менен болған айрықша қарым-қатнас ҳаққында былай дейди:
«Маған ҳəммеси Әкемнен берилген, Әкеден басқа ҳеш ким Улын билмейди. Әкени де тек ғана Улы ҳəм Улы таңлап ашып билдиргиси келгенлер ғана биледи».
Ийса Өзиниң Қудай менен болған жақын байланысы ҳаққында айтыўы менен еврейлерде наразылық туўдырды. «Ол Өзин Қудайдың Улы деп атады», — деди олар. (Юхан 19:7). Ийсаның Өзин Қудайға теңлестириўи соншелли ашық-айдын болып, Ол адамның Өзине деген қатнасын Өзиниң Қудайға деген қатнасына мегзетти.
Солай етип, Ийсаны билиў — Қудайды билиў, Ийсаны көриў — Қудайды көриў, Ийсаға исениў — Қудайға исениў, Ийсаны қабыл етиў — Қудайды қабыл етиў, Ийсаны жек көриў — Қудайды жек көриў, Ийсаны ҳүрмет етиў — Қудайды ҳүрмет етиў дегенди аңлатады.
Булар Өзиниң Қудай менен айрықша қарым-қатнасы ҳаққында Ийсаның тастыйықлаўлары еди. Ол еки мəртебе булардан да туўрырақ қылып айтқан еди. Олардың бириншиси Юхан жазған Хош Хабардың 8–бабының изинде жазылған. «Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: ким де ким сөзлеримди орынласа, ол ҳеш қашан өлим көрмейди», — деген еди Ийса. Оның қарсыласлары ушын бул əжептəўир сөзлер еди. Олар Ийсаға:
«Ибрайым ҳəм пайғамбарлар өлип кетти. Сен бизлердиң бабамыз Ибрайымнан уллымысаң? Сен Өзиңди ким деп санайсаң?», — деп қарсылық көрсетти.
«Бабаңыз Ибрайым Мениң келетуғын күнимди көретуғынына қуўанды ҳəм көрип шадланды», — деп жуўап берди оларға Ийса.
Еврейлер оннан бетер таң қалысып:
«Сен еле елиў жасқа да толғаның жоқ-ғо, Сен Ибрайымды көрдиң бе?» — дести.
Сонда Ийса ең батыл жуўапларының бирин берип:
«Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: Ибрайым туўылмастан бурын Мен бар едим», — деди.
Олар Ийсаға ылақтырыў ушын қолларына тас алды. Муўсаның Нызамы Қудайға тил тийгизгенлерди тас пенен урыў кереклигин буйырған еди. Бирақ, бир қарағанда, олар Масихтың сөзлеринен Қудайға тил тийгизгендей не тапқанына ҳайран қалыўға болады. Әлбетте, Ийса Өзиниң Ибрайымнан бурын жасағанын айтқан еди. Ол бул ҳаққында жийи — жийи айтатуғын еди. Ийса аспаннан келген ҳəм Әкеси тəрепинен жиберилген еди. Булар шыдаўға болатуғын, елеспесиз сөзлер еди. Жəне даўам етейик. Дыққат аўдарайық, Ийса: «Мен Ибрайымнан бурын болдым» деген жоқ, ал «бурыннан барман» деди. Солай етип, Ийса Ибрайымнан бурын-ақ мəңги бар болғанын айтқан еди. Бирақ, бул да еле ҳəммеси емес. «Бурыннан бар едим», — деген сөзлер мəңгилик өмирге ҳақ-ҳуқықы бар екенин айтыўға қарағанда, Қудайлықты талап етиўге көбирек жақын. «Бурыннан барман» деген сөзлер арқалы Қудай Муўсаға Өзин жанып турған путада сөйлегенде ашып берген еди: «Мен бурыннан барман. Израил улларына сени бурыннан бар болған жибергенин айт» (Шығыў 3:15). Бул қудайлық дəрежени Ийса арқайын ғана Өзине алған еди. Әне, сол себептен Ийсаны жазалаў ушын еврейлер қолларына тас алған еди.
Ийсаның Өзине қудайлық ҳақ-ҳуқықты туўрыдан-туўры талап етиўиниң екинши мысалын Оның қайта тирилиўинен кейин көремиз (егер бизлер Ийсаның қайта тирилгенин бир минутқа болса да мойынласақ). Юхан жазған Хош Хабардағы 20:26-29 аятларда айтылыўынша, Ийса қайта тирилгеннен соң келеси екшембиде Томас гүманшыл басқа шəкиртлер менен үйде отырғанда, Ийса келди. Ийса Томасқа жарақатларын услап көриўди усыныс етти. Ал, Томас қатты таң қалды ҳəм ҳайран болып: «Ийем Мениң ҳəм Қудайым Мениң!» — деп бақырып жиберди. Ийса Томасты сыйынып айтқан сөзлери ушын емес, ал исенбегени ушын айыплады.
Оның жанапайлап айтқан сөзлери
Масих Өзиниң Қудайлығы ҳаққында күшли түрде ҳəм туўры, ҳəм жанапайлап айтқан еди. Ол Өзиниң ўазларында да Өзи ҳəм тəбияты ҳаққында гүўалық берген еди. Ийса жийи-жийи Қудай сыяқлы ҳəрекет етти. Буларға төрт мысал келтирип өтсек болады.
Бириншиден, Ийса гүналарды кеширетуғынын айтты. Хош Хабарлардың еки жеринде Ийса гүнакарларды кеширди. (Марк 2:1-12; Лука 7:36-50). Биринши мəрте Ийсаға лəң адамды алып келди. Бул адамның дослары Ийса отырған үйдиң төбесин ашып, кесел адамды жатырған төсеги менен сол жерге түсирди. Ийса кесел адамның мүтəжлиги негизинде руўхый мүтəжлик екенин көрди. Ол халықты таң қалдырып, кесел адамға:
— Балам! Гүналарың кеширилди, — деди.
Екинши мəрте Ийса өз жеңил минез-қулқы менен белгили болған бир ҳаялды кеширди. Ҳаял қасына келгенде, Ол парисейдиң үйинде болып, дастурхан əтирапында жамбаслап жатырған еди. Ҳаял Ийсаның аяқларын көз жасы менен жуўып, шашлары менен сүртти, оларды сүйип, хош ийисли май жақты. Сонда Ийса ҳаялға:
— Гүналарың кеширилди, — деди.
Еки мəрте де сол жерде турған адамлар таң қалысып: «Бул ким? Ол Қудайға тил тийгизди-ғо. Гүналарды Қудайдан басқа ким кешире алады?» — дести. Бул дурыс қойылған сораўлар еди. Өзлеримизге жəбир бергенлерди кешириўимизге болады. Бирақ, бизлердиң Қудайға қарсы ислеген гүналарымызды тек Қудай кешире алады.
Масих Өзиниң Қудайлық тəбиятын өмирин бағышлаўы арқалы дəлийлледи. Ол Өзи ҳаққында айтқанда, «өмир наны», «өмир», «қайта тирилиў ҳəм өмир» деген сөзлерди қолланды. Жүзим солқымлары шақалардан нəр алғаны сыяқлы, изине ергенлердиң де Өзинен ғəрезли екенин билдирди. Ийса самариялы ҳаялға «өмир суўын», ал жас ҳəкимге болса, егер изине ерсе, мəңгилик өмир бериўди ўəде етти. Ол Өзин тек қойлары ушын жанын берип қоймастан, оларға өмир беретуғын жақсы Шопан деп атады. Қудай Өзине пүткил адамлар үстинен бийлик бергенин, Қудайдың Өзине бергенлериниң ҳəммеси мəңгилик өмир беретуғынын айтты. Жəне де: «Ул қəлеген адамын тирилтеди», деген еди (Юхан 6:35, 14:6, 11:25, 15:4, 5, 4:10-15; Марк 10:17-21; Юхан 10:28, 17:2, 5:21).
Бул жəриялаў соншелли анық болып, Оның шəкиртлери буның ҳақыйқат екенин ашық-айдын көрди. Ийсаны таслап кетиў олар ушын мүмкин емес нəрсе болды. «Бизлер кимге барамыз? Сенде мəңгилик өмир сөзлери бар», деген еди Петр.
Өмир — бул жумбақ. Ҳəр қандай өмирдиң, физикалық өмирдиң де, руўхый өмирдиң де тəбияты ҳəм келип шығыўы түсиниксиз. Бизлер оның не екенин ҳəм қаяқтан пайда болғанын анықлап бере алмаймыз. Тек оны Қудайдың сыйы деп атай аламыз. Бул-Ийса беремен деп ўəде еткен сый.
Ийсаның үшинши жанапайлап айтқан сөзлери Өзиниң ҳақыйқатқа үйрететуғыны туўралы еди. Бизлердиң дыққатымызды өзине тартатуғын нəрсе Ол үйреткен ҳақыйқат емес, ал Оның ўазларының туўры догматикалық манерасы болды. Ийсаның заманласлары Оның даналығына қатты таң қалысып былай деген еди:
«Булардың бəрин Ол қаяқтан алған? Оған бундай даналықты ким берген? Ол ағаш устасы емес пе?...»
«Ол оқымаған болса, Мухаддес Жазыўларды қаяқтан биледи?...»
Бирақ, оларды қатты тəсирлендирген нəрсе Ийсаның Өз бийлигин түсиниўи болды:
«Ҳеш бир адам Ол сыяқлы сөйлеген емес».
«Оның сөзинде бийлик бар еди».
«Ийса усы сөзлерди айтып болғанда, халық Оның тəлимине таң қалды. Себеби ол диний муғаллимлер сыяқлы емес, ал Өз бийлиги менен адамларға тəлим берди».
Ийсаның бийлиги диний муғаллимлердики де, пайғамбарлардики де емес еди. Диний муғаллимлер түп нусқаларды даўыслап оқып үйренетуғын еди, ал пайғамбарлар Қудайдың бийлиги менен сөйледи. Бирақ, Ийса Өз бийлигин жəриялады. Ол: «Қудай былай дейди», — деп емес, ал «Мен сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман», — дейтуғын еди. Негизинде Ол Өз тəлийматын Өзиники деп емес, ал Өзин жиберген Әкесиники деп түсиндирди. Ийса Өзиниң Қудайдың туўрыдан-туўры аяны екенин билгенликтен, үлкен исеним менен сөйледи. Ол ҳеш қашан екиленбеди ҳəм кеширим сорамады. Оған Өз сөзлерине қарсы сөйлеўге, сөзлерин қайтып алыўға, айтқан сөзлерин өзгертиўге туўра келмеди. Ол екиленбестен Қудайдың сөзлерин айтып: «Қудайдың Жибергени Оның сөзлерин сөйлейди», — деди. Ол келешекти толық исеним менен болжады. Ийса ҳақыйқый руўхый нызамларды берип: «Душпаныңды жақсы көр», «Ертеңги күн ушын тəшиўишленбеңлер», «Ҳүким етпеңлер, сонда сизлер де ҳүким етилмейсизлер», — деген еди. Ол ҳеш бир гүмансыз орынланатуғын ўəделер де берип: «Сораңлар, сизлерге бериледи», — деген еди. Ийса Өз сөзлериниң нызам сыяқлы мəңгилик екенин ҳəм ҳеш қашан жоқ болып кетпейтуғынын исенимли түрде айтты. Ол Өз тыңлаўшыларын ескертип, олардың Өз сөзин қалай қабыл еткенине қарай тəғдирлери өзгеретуғынын айтқан еди. Бул Израиллылардың Қудайға қалай жуўап бергенине қарай тəғдирлери өзгергени сыяқлы еди.
Ийса Өзиниң дүньяны ҳүким етиўге ҳақысы бар екенин жəриялады. Бул Оның ең күшли талапларының бири болса керек. Ийсаның бир неше тымсалында Оның ақырзаманда келетуғыны ҳəм ақырзаманда болатуғын ҳүким күни Ол келемен дегенше қалдырылғаны ҳаққында айтылады. Ийсаның Өзи өлилерди қайта тирилтеди ҳəм барлық миллетлер Оның алдына жыйналады. Ийса Өзиниң салтанатлы тахтына отырады ҳəм Әкесинен ҳүким етиў бийлигин алады. Сонда Ол шопанның қойларды ешкилерден айырғаны сыяқлы, адамларды айырып бөледи. Биреўлерин дүнья жаратылғаннан бери олар ушын таярлап қойылған Патшалықты мийрас етип алыўға шақырады. Ал, басқалары мынадай қорқынышлы сөзлерди еситеди: «Ҳəй, ғарғыс алғанлар! Мениң қасымнан арман, шайтан ҳəм оның хызметшилери ушын таярланып қойылған мəңгилик отқа кетиңлер» (Матта 25:31-46; Юхан 5:22, 28-29).
Бирақ, Ийса тек ҳүким шығарыўшы болып қалмайды. Ол айырып бөлген ўақытта Өзине деген қатнасты, Өзи арқалы исениўши туўысқанларға деген қатнасты, Өзиниң сөзин қалай қабыл еткенди де есапқа алады. Өзин адамлар алдында тəн алған адамды Ол да Әкеси алдында тəн алады. Өзинен ўаз кешкенлерден Ол да ўаз кешеди. Негизинде, ақырғы күни биреўди аспаннан қуўып жибериў ушын, Оған: «Мен сизлерди ҳеш қашан таныған емеспен», — деп айтыўдың өзи жеткиликли болады. (Юхан 12:47-48; Матта 10:32-33, 7:23).
Бул тастыйықлаўдың уллылығын баҳалаў қыйын. Бизиң заманымызда жаңа ғана тəўбеге келген адамларға: «Мениң сөзлериме дыққат пенен қулақ салыңлар. Мəңгиликте сизлердиң тəғдириңиз усыған байланыслы. Мен заманның ақырында сизлерди ҳүким етиў ушын келемен ҳəм сонда маған қалай қулақ асқаныңызға байланыслы сизлердиң тəғдириңиз шешиледи», — дейтуғын руўханийди көз алдыңызға келтирип көриң. Бундай ўаз айтыўшы менен полиция ямаса психиатр шуғылланған болар еди.
Ийсаның ҳақыйқатқа айланған талаплары
Бизлерге енди тек Ийсаның ислеген кəраматларының сүўретлемесин қарап шығыў ғана қалды. Оларды Ийсаның ҳақыйқатқа айланған талаплары деп атаўға болады. Бизлер кəраматлардың мүмкиншилиги ҳəм мақсети ҳаққында муқыятлы түрде талқылап отырмаймыз. Тек Масихтың кəраматларының баҳалығы олардың ғайрытəбийғыйлығынан емес, ал олардың руўхый əҳмийетлигинен ибарат екенин атап өтиў жеткиликли. Олар ҳəм нышанлар, ҳəм кəраматлар болып, ҳеш қашан жеке мəп ушын ямаса бикардан — бийкарға исленген жоқ. Олар артықмашлықты көз-көз қылыў ямаса адамларда бойсыныўшылықты пайда етиў ушын зəрүр емес еди. Олар физикалық мүмкиншиликке қарағанда, руўхый күшти көрсететуғын еди. Кəраматлар — бул Ийсаның ис жүзинде орынланған тымсаллары болды. Олар Ийсаның жəриялағанларын айқын түрде көрсетти. Ийса Өз сөзлерин ис жүзинде орынлады.
Юхан буны анық көрген еди. Ол өзи жазған Хош Хабарда Ийсаның таңланған алты ямаса жети кəраматы ҳаққында сөз етип (20:30-қə), оларды Ийсаның Өзин Қудай деп таныстырғаны менен байланыстырады. Ийсаның биринши кəраматы — бул Оның Галиладағы Кана қаласындағы тойда суўды шарапқа айландырыўы еди. Бул тымсал ақыл-нəсият бериўши тымсал емес ҳəм оның əҳмийетлилиги ашық-айдын көринбейди. «Сол жерде диний əдет бойынша яҳудийлер тазаланыў ушын қолланатуғын алты тас гүзе бар еди», — деп жазады Юхан (Юхан 2:6). Бизлер излеп атырған гилт усы. Яғный, суў — бул ески динди аңлатады, ал 4-бапта сөз етилген Яқыптың қудығы Ески Келисим менен байланыслы. Шарап — бул Ийсаның динин аңлатады. Ийсаның суўды шарапқа айландырғанындай, нызамның орнын Хош Хабар ийелейди. Усы нызам бойынша Ийса жаңа тəртип енгизиўи керек еди. Ол Қутқарыўшы еди. Кейин ала Ийса самариялы ҳаялға: «Мен — Солман», — деген еди.
Бул сыяқлы, Ийса бес мың адамды тойғызыўы арқалы, Өзиниң руўхый ашлықты да салыстыра алатуғынын көрсетти. Соңын ала Ол: «Мен — өмир наныман», деген еди. Ийса иштен соқыр болып туўылған адамның көзин ашпастан бурын: «Мен — дүньяның нурыман», — деген еди. Егер Ол соқырдың көзин аша алса, Қудайды көриўи ҳəм билиўи ушын, адамлардың да көзин аша алатуғын еди. Ийса өлгенине төрт күн болған Лазар атлы адамды өлимнен тирилтип: «Мен — қайта тирилиў ҳəм өмирмен», — деп билдирген еди. Ол өлилерди тирилтти. Бул нышан болып, денениң тирилиги руўхый тириликти тымсалый түрде көрсетти. Масих исениўши адамның өлими алдынан өмири ҳəм өлгеннен кейин қайта тирилиўи болды. Усы кəраматлардың ҳəммеси тымсал болды, себеби бул адамлар аш, соқыр ҳəм руўхый өли еди. Сол себептен тек Масих ғана оларды тойдырып, көзлерин аша алады ҳəм жаңа өмир ушын өлимнен тирилте алады (Юхан 6:35, 8:12, 11:25).
Жуўмақ
Булардың ҳəммесин Насыралы ағаш устасының тəлийматынан шығарып таслаў мүмкин емес. Оларды Хош Хабарларды жазған адамлар ойлап тапты ямаса олар асыра айтылған деўге болмайды. Олар Хош Хабарларға ҳəм Хош Хабарлардың тийкарларына кең ҳəм бир тегис етип бөлистирилген. Олардың улыўма көриниси сəйкес келеди ҳəм дəлме-дəл болғанлықтан, ойлап табылған емес.
Кəраматлар өзлигинен Қудайлық ҳаққында гүўалық бермейди. Олар өтирик болыўы мүмкин еди, бирақ ондай жағдайда буны түсиндириў керек болады. Егер Ийса Өз тəлийматындағы ең баслы нəрсе болған Өзи ҳаққында толық қəтелескен болса, онда Оған уллы устазға қарым-қатнас жасағандай қарым-қатнас жасамаў керек. Көп алымлар бул жерде өзлерин тынышсызландырату-ғын менменликти көрген еди.
«Әпиўайы адамның бундай сөзлерди айтыўын өзин патшалар дəрежесине көтерип, менменлик қылды деп есаплаўға болады».
«Оның руўхый тəлийматының тереңлиги, ақыллылығы ҳəм (қосып қойыўға рухсат етиң) көзи ашықлығы менен Оның Қудайлық тəбияты (егер Ол ҳақыйқаттан Қудай болса) астына жасырыныўы керек болған өзин жоқары қойыўы арасындағы қарама-қарсылық ҳеш қашан толық түсиндирилмеген».
Олай болса, Ийса билип турып, бизлерди алдағаны ма? Ҳақыйқаттан да, Ол адамлардың Өзиниң көз-қарасларын қабыл етиўине тырысып, негизинде Өзинде болмаған қудайлық тəбиятты алған болса? Буған исениў қыйын. Ийсада қандай да бир ҳақ кеўиллилик болып, Ол басқалардағы еки жүзлиликти жек көретуғын еди ҳəм Оның Өзи жүдə ҳақыйқатшыл болды.
Мүмкин, Ол ҳақыйқаттан да қəтелескен шығар? Өзи ҳаққында беккем қыял-елеслер пайда еткен шығар? Бундай көз-қарасты жақлаўшылар бар, бирақ олардың қыял-елеслери күшлирек. Әдетте, бизлер алданған ҳəм адасқан адамларды еси дурыс емес деп ойлаймыз. Бирақ, Ийса ҳаққында олай ойлай алмаймыз. Оның минез-қулқы Оның сөзлерин тастыйықлайды. Бизлер дəл усы бағдарда өз изертлеўимизди даўам еттиремиз.
3
Ийсаның минез-қулқы
Бир неше жыл алдын мен өзиме онша жақсы таныс болмаған жас жигиттен хат алдым. Ол хатында: «Мен тап жаңа ғана үлкен ашылыў жасадым. Қүдиретли Қудайдың еки улы болған. Бири Ийса Масих, ал екиншиси мен боламан», — деп жазды. Сонда мен конверттеги адреске нəзер тасладым. Жигит руўхый кеселликлер емлеўханасынан жазған еди.
Әлбетте, уллылық ҳəм қудайлық дəрежени алыўға талабан адамлар көп болды. Руўхый кеселликлер емлеўханасында өзлерин Юлий Цезарь, премьер министр, Японияның императоры ҳəм Ийса Масих деп жəриялаўшы адасқан адамлар бирталай еди. Деген менен, оларға ҳеш ким исенбейди.
Олар тек өз-өзин ғана алдайды. Олардың өзлери менен бирге жатқан кеселлерден басқа шəкиртлери де жоқ. Олар өзлерин сондай атлар менен таныстырғаны менен, сол адамлар сыяқлы өзлерин тутып билмегенликтен, əтирапындағы адамларды исендириў қыйынға соғады. Олардың сөзлерин минез-қулықлары дəлийлей алмайды.
Ҳəзир масихыйлардың Масихқа деген исеними Ол Өзин ким деп жəриялаған болса, анық Сол қылып көрсетиўи арқалы беккемленип бармақта. Ийсаның сөзлери менен ислериниң арасында қарама-қарсылық жоқ. Оның айрықша сөзлериниң ҳақыйқый екенлигин дəлийллеў ушын əжайып минез-қулық кереклиги сөзсиз. Ал, Ийсада анық усындай минез-қулық болды. Оның минез-қулқы сөзлериниң ҳақыйқый екенлигин дəлийллемейди, ал исенимли түрде қоллап-қуўатлайды. Ийсаның сөзлери айрықша еди. Ал минез-қулқы тек Өзине тəн еди. Джон Стюарт Милл Оны «Өзинен бурын болғанларға да, изине ергенлерге де уқсамайтуғын айрықша Тулға» деп атады («Масих — бул масихыйлық» 1909 ж. деген китаптан У. Х. Гриффит Томас тəрепинен келтирилген).
Ал Карнеги Симпсон былай деп жазған еди:
«Тəбийғый түрде бизлер Оны ҳеш қандай топарға қоспаймыз. Бизлер Оның атын Конфуция менен басланып, Гете менен тамамланатуғын дизимде оқысақ, үрп-əдеттиң де, əдеплиликтиң де бузылғанын сеземиз. Ийса — уллылардың бири емес. Егер айтқыңыз келсе Уллы Искендер Зулкарнай, уллы Чарльз ҳəм уллы Наполеон ҳаққында да айтың. Бирақ, Ийса өз алдына бөлек турады. Ол уллы емес, Ол — жалғыз. Ол-əпиўайы ғана Ийса. Буған ҳеш нəрсе қосып болмайды. Ол бизлердиң анализ жасаўымызға бойсынбайды ҳəм бизлердиң адамыйлық тəбиятымыздың дəстүрлерин бузады. Ол сыншыллығымызды арттырады, руўхымызды ҳүрмет етиўге мəжбүрлейди. Чарльз Лэмның сөзлери бойынша, егер бул бөлмеге Шекспир кирип келсе, бизлер оған сəлем бериўимиз ушын орнымыздан турыўымыз тийис, ал егер бул Тулға усы жерге кирип келсе, бизлер дизе бүгип, Оның кийимлериниң шетин сүйиўимиз керек.
Солай етип, бизлер Ийсаның бөлек руўхый категорияда туратуғынын көрсетиўимиз зəрүр. Оның қашанлардур жасаған уллы адам екени ҳаққында шамалаў бизлерди қанаатландырмайды. Бизлер Ийса ҳаққында салыстырыў дəрежесинде де, арттырыў дəрежесинде де айта алмаймыз. Бизлер ушын салыстырыў емес, ал айрықшалықты көриў əҳмийетли. «Сен неге Мени ийгиликли деп атадың?» — деп сорады Ийса бай ҳəм жас ҳəкимнен. «Қудайдан басқа ҳеш ким ийгиликли емес-ғо». «Әлбетте!» деп жуўап бериўимиз керек Бизлер. «Сен басқа барлық адамлардан жақсырақсаң. Сен адамлар ишинде ең жақсысы емес, ал Қудайдың толық ийгилигине ийе болған ийгиликлисең!»
Бул сөзлердиң əҳмийети түсиникли болса керек. Гүна — бул адамлардың туўма кесели. Бизлер өз тəбиятымыз бойынша усы вирус пенен туўыламыз. Бул туўралы ҳəмме адам бəрқулла шағым жасайды. Насыралы Ийса гүнасыз болса, Ол бизлер билетуғын адамлар сыяқлы əпиўайы адам болған жоқ. Егер ол гүнасыз болған болса, Оның бизлерден айырмашылығы болды. Ол ғайрытəбийғый болды.
«Уллы кəраматларға қарағанда, Оның минез-қулқы көбирек таң қалдырды».
«Оның гүнакарлардан айырылып туратуғыны əпиўайы нəрсе емес, ал қандай да бир əжайып нəрсе. Бул — төлем төлеп, сатып алыўды ўəде етиў. Масихта анық усы адамгершилик болмағанда, Ол Қутқарыўшы деп есапланбаған болар еди. «Оның Өзин де бизлер сыяқлы қутқарыў керек еди».
Бəлким, Масихтың гүнасызлығы ҳаққында гүўалықларды төрт тараўда жуўмақластырыў пайдалы болар.
Масихтың Өзи бул ҳаққында не ойлады?
Ийса бир ямаса еки мəртебе Өзиниң гүнасыз екенин айтқан еди. Бир ҳаялды бузықшылық ислеп атырғанда услап, оны Ийсаға алып келгенде, Ол ҳаялды айыплағанларға: «Араңызда ким гүнасыз болса, сол биринши болып ҳаялға тас атсын», — деп, оларды таң қалдырған еди. Олар əсте-ақырын тарқаса баслады. Ақырында ҳеш ким қалмады. Бираздан соң сол бапта (Юхан 8-бап). Ийса Өзи ҳаққында: «Қайсы бириңиз Мени гүналы деп, айыплай аласыз», — деп оларды жəне таң қалдырған еди. Ҳеш ким жуўап бермеди. Өзлери айыпланғанда, адамлар кетип қалыўға тырысатуғын еди. Бирақ, Ийса оларды Өзин айыплаўға шақырғанда, Ол қалып, олардың сораўларына шыдай алар еди. Олардың ҳəммеси гүнакар еди, бирақ Ийса гүнасыз болды. Ол Әкесиниң еркине толық бойсынды. «Мен бəрқулла Оның айтқанын ҳəм Оған унайтуғын нəрсени орынлайман». Бул сөзлерде ҳеш қандай мақтаншақлық жоқ еди. Ол албырамай ҳəм жөгиленбей, тыныш сөйледи. Солай етип, тəлийматының тəбиятына тəн түрде, Ол Өзин бөлек руўхый категория қылды. Сол тəризде парисей де Қудайға менменлик пенен шүкирлик билдирген еди: «Қудай, өзимниң басқа адамлар сыяқлы болмағаныма Саған шүкирлик билдиремен». Бирақ, Ийса Өзиниң айрықшалығын Өзин қанаатландырыў ушын қабыл еткен жоқ. Ол ушын бул нəрсеге итибар аўдартыў зəрүр емес еди. Бул нəрсе соншелли ашық-айдын болғанлықтан, оны айрықша атап өтиўге қəжет жоқ еди. Ол тастыйықланбай-ақ, өз-өзинен қабыл етилди. Басқа барлық адамлар адасқан қойлар еди. Ийса жақсы Шопан сыяқлы оларды таўып, қутқарыў ушын келди. Басқа барлық адамлар гүнаның дəрти себепли азап шеккен еди. Ийса шыпакер сыяқлы оларға шыпа бериў ушын келди. Басқа барлық адамлар гүна ҳəм наданлықтың қараңғылығына батқан еди. Ал, Ийса дүньяның нуры еди. Басқа барлық адамлар гүнакар еди. Ал, Ийса Қутқарыўшы болыў ҳəм гүналар кеширилсин деп, қанын төгип, өлиў ушын туўылды. Басқа барлық адамлар аш еди. Ал Ийса — өмир наны еди. Басқа барлық адамларды өлим ҳəм гүналары себепли бойсынбаўшылық күтип турған еди. Ал, Ийса ҳəзир олар ушын өмир, ал кейин ала қайта тирилиў бола алатуғын еди. Бул метафоралардың ҳəммеси Масихтың Өзи тəн алған Өз руўхый айрықшалығын билдиреди.
Сонлықтан, бизлер Ийсаның сыналыўы туўралы билсек те, Оның гүналары туўралы еситпегенимиз таң қаларлық жағдай емес. Ийса ҳеш қашан гүналары ушын тəўбе етпейди. Шəкиртлеринен кеширим сораўды талап етсе де, Өзи кеширим сорамайды. Ол руўхый қулаў дегенди билмейди. Мүмкин, Оған айыпты сезиў ҳəм Қудайға жат болыў сезими таныс болмаса керек. Оның суўға шомылдырылыўы ҳақыйқаттан да тəўбе етип, суўға шомылдырылыў болды. Бул ҳаққында Шомылдырыўшы Яқыя айтқан еди. Деген менен, Яқыя Ийсаны қалай суўға шомылдырыў рəсиминен өткизиўди билмей иркилип қалған еди. Ийса суўға шомылдырыў рəсминен өтиўге Өзин гүнакар деп мойынлағаны ушын емес, ал «пүткил ҳақлықты орынлаў» ушын ҳəм Өзин басқалардың гүналары менен байланыстырыўды баслаў ушын келген еди. Ал Оның Өзиниң болса, Әке менен тығыз бирликте жасайтуғынын көремиз.
Руўхый жақтан ҳəр қандай гүнаның жоқлығы ҳəм Қудай менен анық қарым-қатнаста болыў сезими еки себепке байланыслы жүдə əжайып. Биринши себеп — бул Ийса əдеп-икрамлық сезгирлиги бойынша өткир сезимге ийе еди. «Ол адамның тəбиятын билетуғын еди». Хош Хабарларда Ийсаның ишки екилениўлерди ҳəм халықтағы қозғалаңды көре алатуғыны ҳаққында жийи-жийи сөз етиледи. Оның ашық-айдын түсиниўи парисейлердиң еки жүзлилигин қорқпастан ашып таслаўға жəрдем берди. Ийса олардың еки жүзлилигин жек көретуғын еди. Ол Ески Келисимдеги пайғамбарлар сыяқлы бəлент даўыс пенен олардың басына ҳəсирет келетуғынын айтты. Даңқпаразлық ҳəм жөгилик Ол ушын жеркенишли еди. Солай болса да, Оның сезгир нəзери Өзиндеги гүнаны байқамады. Екиншиден, Оның тəн алынған пəклиги басқа ҳеш бир мухаддес ямаса сырлы адамнан пүткиллей парық қылғаны менен таң қалдырады. Қудайға қəншелли жақынлаған сайын гүналарыңды мойынлап баратуғыныңды масихыйлар биледи. Усы тəрептен мухаддес адам қандай да бир дəрежеде алымға уқсап кетеди. Алым да қəншелли көп ашқан сайын, еле ашылыўларды күтип турған белгисиз нəрселерди көбирек қəдирлейди. Сол сыяқлы масихый да исенимде өскен сайын, Масихқа жетиўге дейин қəншелли үлкен аралық барлығын мойынлайды.
Егер оқырманлардың жеке тəжирийбеси аз болса, олар қəлеген масихыйдың өмир баянына бир нəзер таслаўы арқалы усы айтылғанларға исенеди. Буған бир мысал келтирип өтсек болады. Дэвид Брайнерд деген бир адам XIX əсирдиң басында Делавэр штатындағы ҳинд қəўимлеринде биринши жас елшилердиң бири болды. Оның күнделиги ҳəм хатлары Масихқа қəншелли садық болғанын дəлийллейди. Ол сондай кесел ҳəм ҳəлсиз болып, 29 жасында қайтыс болған болса да, өзин пүткиллей жумысқа бағышлаған еди. Дэвид атқа минип, қалың тереклер арқалы жүретуғын, шаршаўды билмей, тəлим берип үйрететуғын еди, уйықлаўға бас панасы болмай, үй-жайсыз ҳəм хожалықсыз жасады. Оның күнделиги өзиниң қəдирли ҳиндлерине деген сүйиспеншиликке, Қудайға деген дуўа ҳəм алғыс-мақтаўларға толы еди. Әлбетте, ол — өмиринде ҳəм жумысында аз-маз ғана гүнасы болған, жоқары дəрежедеги мухаддес адам еди. Солай болса да, бизлер оның күнделигин оқып отырып, бəрқулла өзиниң руўхый азғынлығынан налынғанын көремиз. Жəне де, ол өзиниң Масихқа жеткиликсиз дуўа етип, Оны жеткиликсиз сүйетуғынын айтып шағынады. Ол өзин «бахытсыз қурт», «өлген ийт», «аса кеткен бийпайда ҳəм аянышлы мақлуқ» деп атайды. Бул оның ақыл-есиниң кесел болғаны себепли емес, ал оның Масих пенен тығыз байланыста болып, өзиниң гүнакар екенлигин терең сезингени себепли еди.
Деген менен, Ийса Масих басқаларға қарағанда Қудайға жақын болса да, гүнакарлық сезиминен азат еди.
Ийсаның дослары не деген еди?
Ийса Өзин Масих ҳəм Қудайдың Улы деп есаплағанындай, бийгүнаман деп те есаплады. Бирақ, Ол усылардың ҳəммесинде қəтелескен шығар. Ол туўралы шəкиртлери не ойлайтуғын еди? Олар Ийсаның пикирине қосылатуғын ба еди?
Айырым адамлар Ийсаның шəкиртлерин ондай жақсы гүўалар болмады деп ойлаўы мүмкин. Олар ҳақыйқатшыл болды ма, Ийса ҳаққында бөрттириңкирек сүўретлеген жоқ па, деген көплеген тартыслар бар. Бул мəселе бойынша, елшилер көп өтирик-өсеклердиң қурбаны болды. Олардың гүўалықларын аңсатлық пенен босқа шығарыў қыйын. Бизлерге олардың гүўалықларына тийкарланыўға мүмкиншилик беретуғын бир неше себеп бар.
Бириншиден, олар Ийса менен шама менен үш жылдай тығыз байланыста болды. Олар бирге ишип-жеп, бирге уйықлады. Балықшының қайығында бирге жүрди, ақшалары да орталыққа жыйналды (адамлардың ақшаларын бир жерге жыйнаўы себепли көплеген алаўызлықлар келип шығады!). Шəкиртлер бир-бириниң ашыўына тийди. Олар урысты. Бирақ, олар ҳеш қашан өзлери ислеген гүналарды Ийсадан көре алмады. Еркинсип қарым-қатнас жасаў себепли жийи-жийи жек көриўшилик келип шығады. Бирақ, бул жағдайда ондай болмады. Негизинде, Ийсаның гүнасыз екенине Петр ҳəм Юхан еки баслы гүўа бола алады. Петр, Яқып ҳəм Юхан кишкене бир топардан ибарат болды ҳəм Ийса оларға айрықша ҳуқық, яғный жасырын аянды билиў ҳуқықын берди.
Екиншиден, елшилердиң бул бойынша айтылған гүўалықларына исениўге болады, себеби олар еврей еди ҳəм олардың сана-сезимлерине балалық ўақыттан баслап Ески Келисимниң тəлийматы сиңдирилген еди. Ал, Ески Келисимдеги олар анық билетуғын ҳақыйқатлықтың бири — бул адамлардың улыўма бир гүнаға ийе болыўынан ибарат еди:
«Бизлердиң ҳəммемиз өз жолларынан адасқан қойлар сыяқлы едик».
Мухаддес Китапқа тийкарлана отырып, олар ҳеш кимди де гүнасыз деп аңсат ғана атай алмас еди.
Үшиншиден, елшилердиң Ийсаның гүнасыз екенлиги ҳаққында айтқан гүўалығына исениўге болады. Себеби бул — туўрыдан-туўры тастыйықлаў емес. Олар Ийсаның гүнасыз болғанлығы ҳаққында айтылған ҳақыйқатлықты анықлап, түсиндириўге кириспейди. Жəне де, олар бир нəрселерди тосаттан талқылап, Ийсаның гүнасызлығы ҳаққында гүўалықларды қосымша етип айтады.
Олар мыналарды айтқан еди: дəслеп Петр Ийсаны «минсиз ҳəм кемшиликсиз Қозы» сыпатында сүўретлейди, ал соңынан «Ол гүна ислемеди, аўзынан ҳеш жалған сөз де шықпады», — дейди (Петр 1-х 1:19, 2:22). Ал Юхан болса, адамлардың ҳəммеси гүнакар екенлигин, егер бизлер өзлеримиздиң гүнасыз екенлигимизди айтсақ, онда өз-өзимизди алдап, Қудайды өтирикши қылып қоятуғынлығымызды айтады. Кейин ол сөзин даўам етип, бизлердиң гүналарымызды алыў бийлигине ийе болған Масихта гүна жоқлығын билдиреди (Юхан 1-х 1:8-10, 3:5).
Петр ҳəм Юханның бул гүўалықларына Павелдиң ҳəм «Еврейлерге жазылған хат»тың авторының сөзлерин қосымша етип айтыўға болады. Олар Ийсаны «гүнаны билмеген», анығырағы «мухаддес, айыпсыз, пəк, гүнакарлардан ажыратылған» деп сүўретлейди. Ол ҳақыйқаттан да «ҳəр тəреплеме бизлер сыяқлы сыналды», бирақ «гүна ислемеди» (Кор 2-х 5:21 Евр х 7:26, 4:15).
Масихтың душпанлары қандай пикирге қосылатуғын еди?
Мүмкин, егер бизлер Ийсаның душпанларының Ол ҳаққында не ойлағанын итибарға алсақ, беккем тийкарға ийе болармыз. Әлбетте, олар Ийсаны жақлаўшы пикирлерге ийе емес еди. Хош Хабарларда олардың Ийсаны аңлып, Оның ўазлары арқалы сөзинен тутыўға тырысқаны ҳаққында оқыймыз. Егер душпанлар дəлийллер арқалы тартысларда жеңе алмаса, бир-бирин өз-ара масқаралаўға өтетуғыны жақсы мəлим. Дəлийл жеткиликсиз болса, орнына ипласлық қолланыўға болады. Ҳəтте, ширкеўдиң абройлы адамлары да өз-ара душпанлық пенен былғанған. Ийсаның душпанлары да солай ис тутқан еди.
Хош Хабарды жазған Марк олардың төрт мəртебе сынға алғаны ҳаққында сөз етеди (2:1-3:6). Олардың биринши айыплаўы — бул Ийсаны Қудайға тил тийгизди, деп айыплаўы болды. Ийса адамның гүнасын кеширди. Бул олар ушын Қудайға тийисли болған нəрсеге қол салыў менен бирдей болды. «Бул — Қудайға тил тийгизиўши менменлик», дести олар. Бирақ, усы сөзлер арқалы мынадай сораў туўылады: «Егер Ол ҳақыйқаттан да Қудай болса, Ол гүналарды кешириў ҳуқықына ийе ме?»
Жəне де, олардың айтыўы бойынша, олар
Олардың үшинши айыпламасы — Ийсаның
Төртиншиден, Ийсаның шемби күни бойынша
Деген менен, ҳеш ким Ийсаның Қудайдың нызамына бойсынып жасағанына шек келтире алмайды. Ол Нызамға бойсынатуғын еди ҳəм Өзин айыплаўшыларды да Нызамды орынлаўға шақыратуғын еди. Жəне де, Ол Қудай дем алыс күнин адам ушын жаратқанын тастыйықлады. Бирақ Ийса «дем алыс күниниң Ийеси» болғанлықтан, адамлардың натуўры дəстүрлерин бийкарлап, Қудайдың нызамын дурыс түсиниўди үйретиўге ҳақылы екенин билди.
Бул айыпламалардың ҳəммеси үстиртин болып, сораўлар пайда етеди. Ийса Өз өмириниң мəселесин шешиўши суд алдында турғанда, Оның айыплаўшыларына Оған қарсы жалған гүўаларды жаллаўға туўра келди. Бирақ, бəри бир де олардың гүўалықлары сəйкес келмеди. Улыўма алғанда, олардың Ийсаға қарсы ойлап тапқан жалғыз айыплама руўхый емес, ал сиясий айыплама болды. Деген менен, сиясий жынаятшы ҳүким етилиў ушын адамлар алдында турғанда, оны қайта-қайта ҳақ деп тапты. Пилат шешим қабыл етиўге қорқып, бир неше мəрте мойын таўлады ҳəм халық алдында қолын жуўып: «Бул Адамның қанының төгилиўине мен айыплы емеспен», — деди. Ҳирод Ийсадан айып таба алмады. Ийсаны сатқан Яҳуда қатты өкинип, руўханийлерге отыз гүмис теңгени қайтарып берди де: «Мен сатқынлық қылдым. Айыпсыз қанды төктирип, гүна иследим», — деди. Атанақ ағашқа шегеленген қарақшы да қасындағы қарақшыны Ийсаны масқаралағаны ушын айыплап: «Ол ҳеш қандай жаманлық қылған жоқ-ғо», — деди. Ийсаның қалай азап шегип, жан тапсырғанын көрген жүзбасы да: «Ҳақыйқаттан да, бул ҳақ Адам екен», — деген еди (Матта 27:24; Лука 23:15; Матта 27:3-4; Лука 23:41-47).
Бизлер өзлеримиз не көре аламыз?
Ийса Масихтың минез-қулқын баҳалағанымызда, бизлер тек басқалардың гүўалықларына сүйенбеўимиз керек. Бизлер өзлеримиз-ақ өз пикиримизге ийе бола аламыз. Ийсаның Өзи жармастырмай айтып өткен, Оның дослары тастыйықлаған ҳəм душпанлары мəжбүрий түрде мойынлаған минсизлик Хош Хабарларда анық баянланған.
Бизлерде өз пикиримизде қəлиплестириўге жақсы мүмкиншилик бар. Хош Хабарларды жазған авторлар сүўретлеген Ийсаның тулғасы көп қырлы. Әлбетте, тийкарынан Ийсаның үш жылға шамалас ўақыт ишинде халық арасында ислеген хызмети баян етилген. Бизлер Ийсаның балалығы ҳаққында жүдə аз билемиз, ал Лука Ийсаның сол балалығында Насыра қаласында жасы да, ақыл-даналығы да өсип, Қудайдың ҳəм адамлардың сүйиспеншилигине бөленип барғанын еки мəртебе айтып өтеди.
Бизлер Ийсаның Өз шəкиртлери менен бирликте халықтан аўлақ кеткени, Оның шаўқымлы аламан ишинде болғаны ҳаққында оқыймыз. Ол Галилада халық тəрепинен қаҳарман сыпатында алғысланғаны, халық Оны мəжбүрий түрде патша қылып қоймақшы болғаны көз алдымызда сүўретленеди. Бизлер Оның изине ерип, Ерусалим Ибадатханасына кирип барамыз, сол жерде парисейлер менен саддукейлер Оны биргеликте изертлеген еди. Уллы жеңислер шыңына шығып, терең түңилиўди бастан кеширсе де, жалғыз адамлар тəрепинен қабыл алынбаса да, Ол сол Ийса болып қала береди. Ол турақлы, жағдайға берилмейди, Ол өзгермейди.
Тағы да, Ийсаның тулғасы салмақлы да. Онда ақылсыз кербазлықтың изи де жоқ. Ол Өзи үйреткен нəрселерге исенеди, Ол фанатик емес. Оның тəлийматы табысқа ийе, Ол таң қаларлық емес. Бизлерде Ийсаның ҳəм адамыйлық, ҳəм Қудайлық тəбияты ҳаққында бирдей дəрежеде гүўалықлар бар. Ол шаршады. Ол басқа адамлар сыяқлы уйықлаўы, ишип-жеўи керек еди. Ол сүйиспеншилик, ғəзеп, қуўаныш ҳəм қайғы сыяқлы адамлардың сезимлерин бастан кеширди. Ол толығы менен адам болды. Деген менен, Ол əпиўайы адам болмады. Ең алды менен, Ол Өзи ушын ҳеш нəрсени қəлемеди. Бул ең таң қаларлық нəрсе. Ол Өзин Қудай деп санаса да, көкирек көтерип, өз атақ-абройы ушын күйип-жанбады. Ол тəккаббир емес еди. Ийсада өзимшиликтиң нышаны да жоқ еди. Ол кишипейил болды.
Анық усы өзгешелик жүдə таң қалдырады. Ийсаның Өзине бағдарланған тəлийматы ҳəм басқаларға деген Оның ис-ҳəрекетлери ҳайран қалдырады. Ийса ойларында Өзин биринши қылып қойса да, ислеринде Өзин пəс тутты. Ол Өзи ҳаққында жоқары баҳалады ҳəм өзин жоқары дəрежеде қурбан қылды да. Ол Өзиниң барлық адамлардың Ийеси екенин билсе де, олардың хызметшисине айланды. Ол Өзиниң дүньяны ҳүким етиў ушын келетуғынын айтса да, Өзи елшилериниң аяқларын жуўды.
Ҳеш бир адам Ийса сыяқлы көп қурбанлықлар бере алмады. Ол аспандағы ҳəзликлерден дүньядағы қайғы-ҳəсиретлер ушын ўаз кешти, гүна менен былғанбаған мəңгилик мəканды жаўыз дүнья менен қарым-қатнас жасаўға аўмастырды. Буны Оның Өзи де, бизлер де тастыйықлай аламыз.
Ийса əпиўайы еврей анадан Бейтлеҳемдеги белгисиз аўылда, патас үйде туўылды. Кишкене нəресте ўақтында анасы менен Мысырға қашып кетти. Оны Насыра деген аўылға алып келди. Ол ағаш устасы болып, анасын ҳəм шаңарақтағы балаларды бағыў ушын мийнет етти. Белгиленген ўақыт келгенде, ел гезип, ўаз айтты. Ҳеш мал-мүлки, қолайлы шараяты ҳəм үйи болмады. Ол Өз досларын əпиўайы балықшылар ҳəм салықшылар арасынан тапты. Ол мақаў кеселлерге қол тийгизди ҳəм бузық ҳаялларға Өзине қол тийгизиўге рухсат етти. Ол Өзин шыпа бериў, жəрдем етиў, тəлим бериў ҳəм ўаз айтыў хызметине бағышлады.
Ийсаны адамлар түсинбейтуғын, сөзлерин надурыс талқылайтуғын еди. Ол адамлардың терис пикирлериниң ҳəм жасырын нийетлериниң қурбаны болды. Оны Өз халқы жек көрди ҳəм қабыл етпеди. Дослары таслап кетти. Ол Өзин урыўға, бетине түкириўге, басына шеңгелден өрилген таж кийдириўге, аяқ-қолларын Рим атанақ ағашына шегелеўге рухсат берди. Денесине өткир нышлар суғылғанда, Өзин азаплап атырғанлар ушын дуўа етиўди даўам етип: «Әке, оларды кешир. Себеби олар не ислеп атырғанын өзлери билмейди», — деди.
Бундай адам дəрежесине жетиў бизлерге мүмкин емес. Бизлер табысқа ерисе алмайтуғын ис Оның қолынан келди. Ийса минсиз артықмашлыққа ийе еди. Ол ҳеш қашан өш алмады. Ол ҳеш қашан ҳеш кимди қапа қылмады, ашыўланбады, Өзинен кешип, Өзин басқара алды. Адамзаттың пайдасы ушын, адамлар не айтып, не ислесе де, Өзин Қудайдың еркине тапсырды. «Мен Өз еркимди излеп, өзиме даңқ-атақ гөзлемеймен», — деген еди Ол. Павелдиң жазғанындай: «Масих Өзине жараныўға тырысқан жоқ».
Қудайға ҳəм адамларға хызмет етиў ушын, өзине пүткиллей немқурайдылық пенен қараў — Мухаддес Китапта сүйиспеншилик деп аталады. Сүйиспеншиликте өзимшиллик жоқ, оның негизи өзин қурбан етиўден ибарат. Ең жаман адам да бир ўақытлары усындай ислер ислеўи мүмкин, бирақ Ийсаның өмири усы сөнбес нур сыяқлы ҳақ нийетлиликке толы болды. Ийса гүнасыз болды, өйткени Ол Өз мəпин гөзлемеди. Усылай Өз-Өзинен кешиў — сүйиспеншилик болып есапланады. Ал Қудай — бул сүйиспеншилик.
4
Ийсаның қайта тирилиўи
Бизлер Ийсаның таң қалдырыўшы сөзлери ҳəм оның минез-қулқы ҳаққында қарап шықтық. Ал, ҳəзир бизлер Ийсаның қайта тирилиўи ҳаққында гүўалықларды қарап шығамыз.
Егер қайта тирилиў ҳақыйқаттан да болған болса, онда ол үлкен əҳмийетке ийе. Егер Насыралы Ийса өлимнен қайта тирилген болса, онда Ол сөзсиз айрықша тулға болды. Бул жерде мəселе Оның руўхый тири қалыўы, Оның денесиниң қайта тирилиўи емес, ал Оның өлимди жеңиўи ҳəм тиришиликтиң жаңа жолына қарай қайта тирилиўи ҳаққында болады. Бизлер бундай қайта тирилиўди басынан кеширген басқа ҳеш кимди билмеймиз. Сонлықтан, заманагөй адамлар мысқыллап ҳəм жек көрип, Ареопаг төбеси кеңесинде Павелдиң: «Өлимнен қайта тирилиў ҳаққында еситкенде, кимиси мазақ етип күлди…», — деген ўазын еситкен афиналы ойшыллар сыяқлы ис тутады (Елш 17:32).
Сөз ҳəзир Ийсаның өлимнен қайта тирилиўи Оның Қудайлығын анықлап беретуғыны ҳаққында емес, ал олардың өз-ара сəйкес келетуғыны ҳаққында ғайрытəбийий тулға бул дүньяға ғайрытəбийий түрде келип, ғайрытəбийий түрде кетиўи күтилген ҳал. Анық усы ҳаққында Жаңа Келисим сөз етеди ҳəм усыған бəрқулла исениўши жəмəəтлер исенип келди. Ийсаның туўылыўы тəбийий болды, бирақ Оның анасының қурсағында пайда болыўы ғайрытəбийий болды. Оның өлими тəбийий болды, бирақ өлимнен қайта тирилиўи ғайрытəбийий болды. Ийсаның анасының қурсағында кəраматлы түрде пайда болыўы ҳəм өлимнен қайта тирилиўи Оның Қудайлығын дəлийллемейди, ал олар өз-ара сəйкес келеди (бизлер бул жерде Ийсаның анасының қурсағында ҳадал жол менен пайда болыўын қарап шығып атырған жоқпыз. Жаңа Келисимде бул Ийсаның масихыйлық ямаса Қудайлық тəбиятын көрсетиў ушын, өлимнен қайта тирилиўи сыяқлы қолланылмайды. Ҳадал жол менен пайда болыўы ҳаққында Джеймс Орраның «Масихтың ҳадал жол менен туўылыўы» (1907) деген китабында жақсы сүўретлеген, Жəне де, бул Дж Гришем Мейченниң «Ҳадал жол менен туўылыў» (1936) деген китабында жақсы сүўретленген).
Ийса Өзи өлими ҳаққында айтқанда, Өзиниң өлимнен қайта тирилиўин де сөзсиз қосып айтатуғын еди. Ол Өзиниң өлимнен қайта тирилиўин бир нышан сыпатында сүўретлейтуғын еди. Павел өзиниң «Римлилерге жазған хаты» ның басында Ийсаның «...өлимнен қайта тирилиўи арқалы Қудайдың Улы екени қүдирет пенен дəлийлленди», — деди. Ал, елшилердиң «Елшилердиң ислери» китабындағы ең дəслепки ўазлары өлимнен қайта тирилиў арқалы Қудай адамлар үстинен шығарылған ҳүкимди бийкар еткенин ҳəм Өз Улын ақлағанын тастыйықлайды.
Бизлер Луканы инталы ҳəм пуқта тарийхшы сыпатында таныймыз. Ол бул өлимнен қайта тирилиў ҳаққында айтқанда, көп дəлийллер бар екени туўралы сөз етеди. Мүмкин, бизлер өлимнен қайта тирилиўди «тарийхтағы көбирек дəлийлленген факт» деп атаған Томас Арнольд сыяқлы тереңирек қарап шықпасақ керек. Бирақ, əлбетте, көплеген бийғəрез алымлар өлимнен қайта тирилиў ҳаққында гүўалықты жүдə исенимли деп есаплайды. Мысалы: мырза Эдвард Кларк К. С. ҳүрметли Е. Л. Мэккейсиге былай деп жазған еди:
«Мен юрист сыпатында Қутқарылыў (Пасха) байрамының биринши күнинде болған ўақыялар ҳаққында гүўалықларды терең үйренип шықтым. Мениңше, гүўалық исенимли, сонлықтан мен Жоқары Судта онша анық болмаған гүўалықлар ҳаққында жуўмақты қайта-қайта жақладым. Гүўалықтың соңында оны жуўмақлаў керек болады. Ал, ҳақыйқатты айтыўшы гүўа ҳəмме ўақытта тəбийий болып, басқаларға өзин көз-көз қылыўға тырыспайды. Усындай гүўалыққа Хош Хабарда сөз етилген өлимнен қайта тирилиў ҳаққында гүўалық жатады. Мен юрист сыпатында оны дəлийллер ҳаққында гүўалық берген ҳақыйқатшыл адамлардың гүўалығы деп толық қабыл етемен. Олар өз гүўалығын тастыйықлай алған еди».
Бул қандай гүўалық? Оны төрт тастыйықлаў менен байланыстырыўға болады.
Дене ғайып болды
Төрт Хош Хабарда да Ийсаның өлимнен қайта тирилгени ҳаққында гүрриң етилгенде, гүрриң Қутқарылыў байрамы күни (екшемби күни) таң азанда ҳаяллардың Ийсаның қəбирине келгени менен басланады. Ҳаяллар қəбирге келип, Ийемиздиң денесиниң ол жерден ғайып болғанын көрип қорқып кеткен ҳəм таң қалған еди.
Көп өтпей, елшилер Ийсаның қайта тирилгени ҳаққында жəриялай баслады. Бул олардың ўазларындағы баслы нəрсе болды.
Қəбир бос еди. Ийсаның денеси ғайып болған еди. Бул бойынша гүман болыўы мүмкин емес. Бирақ, мəселе оны қалай түсиндириўге болады, əне соннан ибарат.
Бириншиден
Жəне де, бул ҳаяллар ақылсыз емес еди. Олардың екеўи Юсуп ҳəм Никодимниң денени қай жерге қойғанын өз көзлери менен көрген еди. Олар, ҳəтте, денениң қалай қəбирге қойылғанын да қəбирдиң қарсы алдында отырып гүзеткен еди. Бул еки ҳаял — магдалалы Мəриям ҳəм Ийсаның анасы Мəриям өзлери менен бирге Саломия, Юханна ҳəм басқа ҳаялларды ертип, таң атқанда қəбирге келген еди. Солай екен, егер биреўи жолдан алжасқан болса, басқалары буны билер еди. Жəне де, магдалалы Мəриям биринши мəртебе басқа жерге келген болса, екинши мəрте жəне сол қəтесин жап-жақты болған азанда тəкирарламаған болар еди. Ол сол жерде Ийсаны көрмегенше, иркилип турған еди.
Оның үстине, ҳаялларды қəбирге таң азаннан тек қайғы жетелеп келген жоқ. Олар белгиленген бир мақсет пенен келген еди. Ийесиниң денесине хош ийисли нəрселерди жағыў исин жуўмақлаў ушын, олар хош ийисли нəрселерди əкелген еди. Өйткени, еки күн бурын бул исти жуўмақлаўға дем алыс күниниң тақалып қалғаны кесент еткен еди. Бул садық ҳəм искер ҳаялларды аңсат ғана алдаў ҳəм өз исин жуўмақлаўдан ўаз кешиўге мəжбүрлеў мүмкин емес еди. Тағы да, егер олар қəбирди алжастырған болса, еситкенлерин тексерип көриў ушын жуўырып кеткен Петр ҳəм Юхан да сол қəтени тəкирарлаған болмас па еди? Кейинирек келген Юхан, Никодим ҳəм басқалар сыяқлы, жолды екиленбей, дурыс таўып келгенлер ҳаққында не айтыўға болады?
Қəбирдиң бос болғанын түсиндиретуғын жəне бир пикир — бул Ийсаны
Бул пикир көптен-көп сораўларды туўғызады. Ол ҳақыйқатлықты пүткиллей бурмалайды. Гүўалықлар оған туўрыдан-туўры қарама-қарсы келди. Ийса əлле-қашан жан тапсырғанын еситкенде, Пилат растан-ақ ҳайран қалды. Бирақ, жүзбасы оннан Ийсаның денесин атанақ ағаштан түсириўге рухсат сорағанда, оған жүзбасының исендирип айтқан сөзлери жеткиликли болды. Жүзбасының Ийсаның жан тапсырғанына исеними кəмил еди, өйткени ол əскерлердиң бири Ийсаның бүйирин найза менен тескенде, сол ўақытта-ақ қан менен суў ағып шыққанын көрген еди. Солай етип, Юхан ҳəм Никодим Ийсаның денесин атанақ ағаштан түсирип алып, кепинликке орады да, Юсуптың жаңа қəбирине қойды.
Усы ўақыт ишинде Ийса ҳақыйқаттан-ақ талып жатты деп исениўге бола ма? Қаншама жаўызлықлар, ҳүким етилиў, масқараланыў, таяқ жеў ҳəм атанақ ағашқа шегелениўден соң, Ол 36 саат даўамында тас қəбирде, суўықта, азық — аўқатсыз ҳəм медициналық жəрдемсиз жасай алар ма еди? Кейин ала соншелли адамлардың қолынан келмейтуғын күш жумсап, қəбирдиң аўзындағы тасты домалатып таслаўы ҳəм усындай ис-ҳəрекетлерин Рим сақшыларына билдирмеўи мүмкин бе еди? Усылардан соң, ҳəлсиз, азап шеккен ҳəм аш ҳалында шəкиртлерине өлимди жеңген жеңимпаз сыпатында көрине алар ма еди? Ақыры Ол өлип, қайта тирилетуғынын айтқан, шəкиртлерин тапсырмалар менен жиберген ҳəм оларға заманның ақырында келетуғынын ўəде еткен еди-ғо. Қалай Ол қырық күн даўамында бир жерлерде жасырынып жасаўы, бир ўақытлары күтилмегенде пайда болып, кейин ҳеш нəрсе түсиндирмей ғайып болыўы мүмкин еди? Бундай пикирге исениў Томастың исенбей, екилениўине қарағанда ақылға уғрас келмейди.
Үшиншиден,
Төртиншиден,
«Тақсыр! Ана өтирикшиниң тири ўақтында: Мен үш күннен кейин қайта тирилемен», — дегени есимизге түсти. Сонлықтан да, шəкиртлери түнде келип, Оны урлап алып кетип, халыққа: «Ол өлимнен қайта тирилди», — деп айтпаўы ушын, Оның қəбирин үш күнге дейин қараўыллаўға буйрық бериң. Олай етпесек, соңғы жалған бурынғысынан да бетер болады», — деди.
Пилат келисим берип: «Барып, қəбирди өз билгенлериңизше гүзетиңлер», — деди. Солай етип, олар барып, тасқа мөр басты да, қəбирге сақшы қойды. Матта даўам етип сүўретлей отырып, тас та, мөр де, сақшылар да Ийсаның қайта тирилиўине кесент ете алмағанын ҳəм сақшылар қалаға барып, болған ўақыяның барлығын бас руўханийлерге айтып бергенин, ал олар əскерлерге көп ақша берип:
«Түнде бизлер уйықлап атырғанымызда шəкиртлери келип, Оны урлап алып кетти», — деп айтыңлар. Егер бул хабар ҳəкимниң қулағына жетсе, бизлер оның менен келисип, сизлерди ҳəр қандай бəледен сақлап қаламыз», — деди. Әскерлер ақшаны алып, олардың үйретиўи бойынша иследи. Ал, усы сөз Яҳудийлердиң арасында бүгинги күнге дейин кең тарқалған».
Бирақ, бул ўақыя да ақылға уғрас келмейди. Таңланған сақшылар, олар я римлилер, я яҳудийлер болсын, қатаң гүзетиў бойынша пəрман алып болып, уйықлап қалыўы мүмкин бе? Ал, егер олар ҳақыйқаттан да сергек болып турған болса, қалайынша ҳаяллар олардың қасынан өтип кетип, тас домалатып қойған болар еди.
Егер шəкиртлери Ийемиздиң денесин алып кетти, деп көз алдымызға келтирип көрсек, бул пикирди пүткиллей жоққа шығаратуғын бир психологиялық түсиник бар. «Елшилердиң ислери» китабының биринши бөлимин оқысақ, елшилер өзлериниң дəслепки ўазларында өлимнен қайта тирилиўге көбирек итибар бергенин билемиз. «Сизлер Оны өлтирген едиңиз, бирақ Қудай Оны өлимнен тирилтти, бизлер буған гүўамыз», — дейтуғын еди бəрқулла олар. Олар биле тура, жалған нəрсени жəриялады, деп исене аламыз ба? Егер олар Ийсаның денесин алып кеткен болса, Оның қайта тирилгенин де олардың жəриялаўы биле тура өтирик сөйлеў менен бирдей. Олар тек бул ҳаққында жəриялап қоймастан, бул ушын азапта да болады. Олар, ҳəтте, қамаққа, таяқ жеўге ҳəм өлимге барыўға да таяр еди. Ҳəммеси ойлап табылған өтирик ушын емес-ғо!
Бул ҳеш ҳақыйқатлыққа уқсамайды. Ол соншелли мүмкин емес нəрсе сыяқлы болғанлықтан, ҳеш болыўы мүмкин емес нəрсеге мегзейди. Хош Хабарларда ҳəм «Елшилердиң ислери» китабында елшилердиң ҳақыйқый болғаны анық көринеди. Олардың өзлери алданыўы мүмкин еди, бирақ өзлери өтирикши болған емес. Еки жүзлилер менен азап шегиўши адамлардың топырағы бир жерден алынған деп айтыў мүмкин емес.
Бесинши, мүмкин, ең исенимсиз пикир — бул Рим ямаса яҳудий басшыларының өзлери Ийсаның денесин алып кеткен деген пикир. Бул исти ислеўге оларда растан-ақ себеплер бар еди. Олар Ийсаның өлимнен қайта тирилиўи ҳаққында еситип, алданыўдан қорқатуғын еди. Демек (бизлер түсиндириўи бойынша), алданып қалыўдың алдын алыў ушын, олар сақлық усылларын қоллана отырып, денени алып кеткен.
Бирақ анықлаңқырап қарайтуғын болсақ, бул анық болған ўақыяларды шамалап қайта тиклеў шыл-пəрше болады. Хабарымыз бар, Ийсаның өлиминен соң бир неше ҳəпте өткенде, масихыйлар Оның қайта тирилгени ҳаққында батыллық пенен жəриялай баслады. Бул хабар тез тарқалып кетти. Жаңа насыралы ҳəрекет иудаизмниң тирегин қулатып, Ерусалимниң тынышлығын бузады, деген қəўип туўылды. Еврейлер өзгерислер болыўынан, ал римлилер тəртипсизликлер басланыўынан қорқты. Ҳүкиметке бир ғана ҳəрекет ислеў қалды. Олар Ийсаның денесин көрсетип, өзлериниң не ислегенин ашық жəриялаўы керек еди.
Буның орнына, олар үндемей, жаўызлық пенен ис тутыўға киристи. Олар елшилерди қолға алды, оларды қорқытты, урды, қамаққа отырғызды, хорлады, оларға қарсы тил бириктирди ҳəм оларды өлтирди. Егер ҳүкиметте Ийсаның өли денеси болғанда, булардың ҳəммесин ислеўдиң ҳеш қəжети жоқ еди. Исениўшилер жəмəəти өлимнен қайта тирилиўге тийкарланған еди. Өлимнен қайта тирилиўди жоқ деп əшкараласаңыз, жəмəəт қулайды. Бирақ, ҳүкимет буны ислей алмады, себеби оларда Ийсаның денеси жоқ еди. Ҳүкиметтиң үндемеўи өлимнен қайта тирилиў болғанын ҳəм елшилердиң гүўалықларын дəлиллейди.
Булар — Ийсаның қəбириниң босап қалғанын ҳəм денесиниң ғайып болғанын түсиндириў ушын, адамлар ойлап тапқан дəлийллер. Олардың ҳеш бири де жеткиликли емес ҳəм олардың ҳеш бириниң де тарийхый гүўалықлары жоқ. Егер бизлер Хош Хабарлардағы Қутқарылыў байрамының биринши күнинде болған ўақыяларды сүўретлеўши əпиўайы ҳəм парасатлы гүрриңлерди мақул көрсек, басқа сəйкес келиўши түсиндирмелерди алыўды қəлеўшилер бизлерди кеширсин. Адамлар Ийсаның денесин алып кетпеди. Оны Қудай тирилтти.
Кепинлик өз орнында қалды
Ийсаның денесиниң урланғанын айтыўшы гүрриңлер кепинликтиң өз орнында қалғанын сөз етеди. Сол күни таң азанда Петр менен бирликте қəбирге жуўырып барған Юхан бул дəлийллди айрықша тастыйықлайды. Ол бул ўақыя ҳаққында сөз еткенде (Юхан 20:1-10), өзиниң анық қатнасқанын көремиз. Юхан қəбирге Петрден бурынырақ жуўырып барып, тек қəбирдиң ишине үңилип қарады, бирақ қəбирге Петр келгеннен кейин кирди. Юханның жазыўы бойынша: «Сонда қəбирге биринши болып келген сол шəкирт те ишке кирди ҳəм усыларды көрип, исенди». Бул жерде: «Ол исене алғандай не көрген еди?» — деген сораў туўылады. Гүрриңниң мəнисинен Юханды тек денениң жоқлығы емес, ал кепинликтиң өз орнында жатырғаны, əсиресе оны ҳеш ким қозғамағаны таң қалдырды.
Генри Лэтемниң «Қайта тирилген Ийе» деген китабында (1904) сөз етилгенлерди даўамлап, ўақыяларды орнына қойып көриўге ҳəрекет етейик. Юханның айтыўы бойынша, Юсуп Пилаттан Ийсаның денесин алыўға рухсат етиўин өтиниш қылып турғанда, Никодим жүз қадаққа жақын мирра ҳəм алоэ араласпасын алып келди. Соңынан олар биргеликте Ийсаның денесин алып, яҳудийлердиң жерлеў дəстүри бойынша, Оны хош ийисли затлар менен кепинликке орады. Басқаша қылып айтқанда, олар денени таўар менен орағанда, таўардың арасына хош ийисли нəрселер септи, Адамның басын өз алдына бөлек орамал менен ораў керек еди (буны Юхан Лазарды ораған кепинликти сүўретлегенинен көремиз. Өйткени, Ийса Лазарды тирилткенде: «Аяқ — қоллары кепинлик пенен оралған, бети орамал менен байланған өли тирилип, сыртқа шықты», — делинген (Юхан 11:44). Солай етип, олар Ийсаның денесин ҳəм басын кепинлик пенен орады, ал жүзин ҳəм мойнын шығыс дəстүри бойынша ашық қалдырады. Кейин олар үңгирде жайласқан қəбирдеги тас плитаға Ийсаның денесин қойды.
Көз алдымызға келтирип көрейик, Ийса өлимнен қайта тирилгенде, бизлер сол қəбирдиң ишинде едик. Бизлер нени көрген болар едик. Ийсаның қозғалып еснегенин, керилип, орнынан турғанын ба? Яқ. Бизлер оны өмирге қайтты, деп ойламаймыз. Ол талып қалып, Өзине келген де жоқ. Ол өлди ҳəм өлимнен қайта тирилди. Бул жан ениў емес, ал өлимнен қайта тирилиў еди. Бизлер Оны кəраматлы түрде өлимнен тиришиликтиң пүткиллей жаңа тараўына өтти, деп ойлаймыз. Бизлер сол жерде болғанымызда, нени көрген болар едик? Бизлер тосаттан денениң ғайып болғанын байқаған болар едик. Дене бурынғыдан басқаша, жаңа ҳəм кəраматлы болып ғайып болған болар еди. Ол Өзин ораған нəрселер, кейин ала жабық қапылар арқалы оларға тийместен өтип кетти. Усындай болыўы мүмкин, бирақ анық емес. Себеби дене ғайып болғанда, хош ийисли нəрселердиң аўырлығынан кепинлик түсип кетип, теп-тегис болып жатар еди. Кепинлик ҳəм басқа оралған орамал арасында, яғный мойын ҳəм бас аралығы бөлек турар еди. Ал, айқастырылып оралған орамал жыпырылған сəлле сыяқлы болып, ишинде бас болмаса да, иймейген формасын сақлап қалған болар еди.
Юханның муқыятлап үйренип, гүрриң еткени арқалы, ол кепинликке қарағанда, усы үш айрықшалықты көргенин билемиз. Бириншиден, ол кепинликтиң «жатырғанын» көрди. Бул сөзлер еки рет тəкирарланады. Грек сөз бирлигинде оларға айрықша пəт берилген. Оларды былай аўдарыўға болады: «Ол жатырған (ямаса түсип кеткен) орайтуғын таўарды көрди». Кейин басқа оралған орамал «кепинлик пенен бирге емес, ал бөлек жерде» бүкленип турғанын көремиз. Бул орамалды мыжымырлап — мыжымырлап, мүйешке атып урған дегенди аңлатпайды. Орамал дүңкейген тас үстинде, кепинликтен əдеўир узақлықта жатырған еди. Үшиншиден, бул орамал өзгеше қылып бүкленген ҳалында жатыр еди. Айырым аўдармаларда «оралған», «бүгилген» деген сөзлерди гезлестиремиз. Бул жақсы аўдармалар емес. «Оралған» деген сөз бос қалған орамал сақлап қалған домалақ форманы сүўретлейди.
Қəбирге жақынлап келген елшилердиң көз алдында қандай көринис пайда болғанын түсиниў қыйын емес. Олардың көз алдында дүңкийген тас, жерде жатырған кепинлик, бос қалған орамал ҳəм олар арасындағы аралық турған еди. Олардың көрип, исениўи де таң қаларлық нəрсе емес. Кепинликке тасланған жалғыз-ақ нəзердиң өзи қайта тирилиўдиң ҳақыйқаттан болғанын дəлийллеп, оның тийкарын ашып көрсетеди. Кепинликке ҳеш ким қол тийгизбеген, оларды ҳеш ким бүклемеген, улыўма ҳеш бир адам баласы оны қозғамаған еди. Кепинлик ишиндеги қурт гүбелекке айланып ушып кеткен қурттың қабығына уқсайтуғын еди.
Кепинликтиң қандай тақилетте жатырғанын да байқамаў мүмкин емеслиги де түсиникли. Қайта тирилиўди дəлийллеўши жəне бир гүўалық Петр ҳəм Юханға хабарды жеткизип болып, өзи қəбирге қайтып келген магдалалы Мəриямның ақ кийим кийген еки периштени көргенинен ибарат болды. Бул еки периштениң биреўи Ийсаның денеси жатқан жердиң бас ушында, ал екиншиси аяқ ушында отырған еди. Демек, олар дүңкийген таста отырған, ал кепинлик олар арасында жатқан болыўы мүмкин. Марк та, Матта да олардың бири: «Ол бул жерде жоқ. Өзиниң айтқанындай, Ол қайта тирилди. Барып, Оның жатқан жерин көриңлер», — дегенин айтады (Юхан 20:11-12; Матта 28:6; Марк 16:6). Китап оқыўшысы периштелерге исене ме, я яқ па, Ийсаның жатқан жериниң сүўретлениўи, периштелердиң отырысы ҳəм сөзлери Хош Хабарларды жазғанлардың түсингенлерин тастыйықлайды. Яғный, кепинликтиң қандай түрде жатқаны ҳəм денениң жоқлығы Ийсаның қайта тирилгени ҳаққында гүўалық береди.
Адамлар Ийемизди көрген
Хош Хабарларды оқығанлардың есинде болса керек, оларда Ийса Өзи өлимнен қайта тирилгеннен соң, шəкиртлерине көрингени ҳаққында бир неше айрықша гүрриңлер бар. Өлимнен қайта тирилген Ийемиздиң Петр «таңланған гүўалар» деп аталған адамларға он рет ҳəр бирине бөлек түрде көрингени ҳаққында бизлер билемиз. Ийемиз магдалалы Мəриямға, қəбирден қайтып киятырған ҳаялларға, Петрге, Еммаусқа баратырған еки шəкиртине, үйде жыйналып отырған он шəкиртине, бир ҳəптеден соң, он бир шəкирти менен отырған Томасқа, бир ўақыттың ишинде бес жүз исениўшиге (олар Галилаға көтерилетуғын жерде болған болыўы мүмкин), Галила теңизиниң жағасында болған бир неше шəкиртине, яғный Петр, Томас, Натаниел, Яқып ҳəм Юханға, Өзи аспанға көтерилгенде, Бетания жанындағы Зəйтүн таўында болған көп адамларға көринди. Павел (Кор 1-х 15-бап) өзин өлимнен қайта тирилген Ийемизди көргенлер қатарына киргизеди ҳəм Дамаскқа баратырған жолында болған ўақыялар ҳаққында сөз етеди. Лука да өзиниң «Елшилердиң ислери» китабының басында: «Ол азап шегип өлгеннен кейин, көп исенимли дəлийллер менен елшилерге Өзиниң қайта тирилгенин көрсетти. Қырық күн даўамында оларға көринди», — деп сөз етиўине қарағанда, Ийса басқа адамлар менен де ушырасқан болыўы ҳəм олар ҳаққында мағлыўматлар сақланып қалмаған болыўы мүмкин.
Ийсаның өлимнен қайта тирилгени ҳаққында айтылған тири гүўалықларға аңсат ғана қол силтеў мүмкин емес. Буларды түсиндириўши бир нəрсе табыў керек болады. Тек үш болжаў ғана мүмкин болыўы итимал. Бириншиси — бул сөзлердиң ҳəммеси ойлап табылған, екиншиси — булардың ҳəммеси елес болды, үшиншиси — ҳəммеси анық айтылғандай болды.
Бул сөзлер
Жəне де, оларды ҳеш ким де: «Жақсы ойлап табылған», — деп айта алмайды. Егер бизлер өлимнен қайта тирилиўди ойлап тапқанымызда, мүмкин, буны еле де жақсырақ қылып ойлап тапқан болар ма едик? Мүмкин, Хош Хабарларда сөз етилгендей қылып, ўақыяларды шубаландырып отырмаўға ҳəрекет еткен болыўымыз да итимал. Бизлер елшилердиң екилениўлери ҳəм қорқынышларын алып таслаған (ямаса азайтқан) болар ма едик? Бəлким, бизлер қайта тирилиўдиң өзи ҳаққында қайғылы гүрриң жазып (қыялый апокрификалық Хош Хабарларда жазылғандай), өлим тусаўларын үзип, қəбирден жеңис пенен шыққан Қудай Улының күшин ҳəм салтанатын сүўретлеген болар ма едик. Бирақ, олардың қалай болғанын ҳеш ким көрмеген ҳəм бизлерде бундай сүўретлеме жоқ. Мүмкин, бизлер ҳеш қашан да Магдалалы Мəриямды биринши гүўа қылып таңламаған болар едик?
Булар ойлап табылған, деген пикирге қарсы болған нəрселер де болып, олар гүрриң етип айтқан адамлардың садалығынан күшлирек. Бул — анық дəлийлленген нəрсе болып, бизлер алдын ол ҳаққында сөз еткен едик. Яғный, елшилер де, Хош Хабарлардың авторлары да, дəслепки исениўши жəмəəт те Ийсаның өлимнен қайта тирилгенине анық исенди. Пүткил Жаңа Келисим исеним ҳəм жеңис сезимине толы. Жаңа Келисимниң авторлары алданған болыўы да мүмкин еди, бирақ олардың билип турып бизлерди алдамағаны анық.
Егер сол сөзлер ойлап табылмаған болса, болған ўақыялар
Елести əпиўайы адамлар да көрген ҳəм бундай жағдайда елести көриўдиң еки айрықша түрин атап өтиўге болады. Бириншиден, биреў бир нəрсени қатты қəлеп, күшли ойланғанда, екиншиден елес ушын қолайлы жағдай, (ўақыт, орын ҳəм кейпият) пайда болғанда елес көринген. Бул ушын адамның ишинде күшли қəлеў ҳəм қолайлы сыртқы жағдай болыўы зəрүр.
Бирақ, бизлер Хош Хабарларда өлимнен қайта тирилиў ҳаққында айтылған гүрриңлерди оқысақ, бул еки жағдайды да көре алмаймыз. Оларда бир нəрсени көриўге деген күшли тилек жоқ болып, ҳəммеси керисинше көринеди. Ҳаяллар қəбирдиң бос екенин биринши мəрте көргенде, «қорққанлықтан, зəррелери ушып» қашып кетти, себеби олар «қорққан» еди. Магдалалы Мəриям ҳəм басқа ҳаяллар Ийсаның тири екенин айтқанда, елшилер «исенбеди» ҳəм ҳаяллардың сөзи оларға «ертек болып» көринди. Ийсаның Өзи келип, олардың ортасында турғанда, олар албырап, қорқып қалысты. Олар əрўақ көрип турмыз деп ойлады. Ийса оларды исенбегени ҳəм қайсарлығы ушын айыплады. Ал, Томас өз көзлери менен Ийсаның жарақатларын көрмегенше исенбейтуғынын айтқан еди. Кейин ала Ийса он бир елшисине ҳəм басқа шəкиртлерине Галиладағы таўда көрингенде, олар Оны көрип, алдында тəжим етти, ал гейбиреўлери исенбеди. Оларда күшли тилек те, сада исеним де, ойсызлық пенен қабыл етиў де болған жоқ. Шəкиртлерди ап-аңсат алдаў мүмкин емес еди. Олар гүманшыл, бирден исениўге исеними аз адамлар еди. Олар елеске бойсыныўшы адамлар емес еди, ҳəтте, оларды айрықша аянлар да қанаатландырмаған болар еди. Олардың исеними беккем дəлийл ҳəм сыналған тəжирийбеге тийкарланған еди.
Тек булар емес, ал қолайлы сыртқы жағдайлар да жоқ еди. Егер де Ийса айрықша мухаддес болған бир-еки орында пайда болғанда (олар ҳаққында еске түсириўлерге толы болған орынларда), егер де адамлар усындай бир нəрсени күткенде, əлбетте, бизлерде гүман пайда болған болар еди. Егер бизлер тек үйде болған ушырасыўды билгенимизде, бизлерде гүманланыўға себеп туўылған болар еди. Егер де он бир елши Ийсаның өзлери менен бирге дүньядағы ең соңғы ўақытларында өткерген айрықша орнында жыйналғанда, сол жерди сақлап, өткизген əжайып күнлер ҳаққында еслегенде, Ийсаның қайтып келемен деген ўəдесин ядқа түсиргенде, Ол келе ме я келмей ме, деп ойлап отырғанда, бизлер өзлеримизди реҳимсиз түрде алдандық деп ойлаған болар едик.
Бирақ, бундай болған жоқ. Негизинде, Масихтың он мəртебе көрингени туўралы үйренгенимизде, Оның ҳəр түрли жағдайларда ҳəр түрли адамларға ҳəм ҳəр түрли орынларда көрингенин билип аламыз. Оны ҳəр түрли адамлар (Магдалалы Мəриям, Петр ҳəм Яқып), адамлардың кишкене топары ҳəм бес жүз адамнан көбирек болған аламан көрди. Ийса Ерусалимның қасындағы қəбирге жақын жердеги бағда, үйде, Еммаусқа баратырған жолда, Галила теңизиниң жағасында, Галиладағы таўда ҳəм Зəйтүн таўында көринди.
Адамлардың ҳəм орынлардың ҳəр түрли болғаны сыяқлы, жағдай да ҳəр түрли болғанын көремиз. Магдалалы Мəриям жылаған, ҳаяллар қорққан ҳəм таң қалысқан еди. Петр өкинишке, ал Томас гүманға толы еди. Еммаусқа баратырған еки адам өткен ҳəптеде болған ўақыялар менен, ал Галилада болған шəкиртлер балық аўлаў менен бəнт еди. Деген менен, олардың екилениўлери менен қорқынышына, исенбеўшилиги менен бəнт болыўына қарамастан, өлимнен қайта тирилген Ийемиз оларға Өзин мəлим етти.
Қудай Ийениң бул аянларын ақылынан адасқан адамның елеси деп түсинбеў керек. Бирақ, егер олар ойлап табылған нəрсе де, елес те болмаған болса, онда олардың ҳақыйқаттан болғаны рас деген пикир қалады. Адамлар өлимнен қайта тирилген Ийемизди көрген еди.
Шəкиртлер өзгерди
Бəлким, Ийсаның шəкиртлериндеги өзгерис оның қайта тирилгени ҳаққында ең əҳмийетли гүўалық болыўы мүмкин. Өйткени, олар пүткиллей тəбийий еди. Олар бизлерди өзлерине нəзер таслаўға, бос қəбирге ҳəм онда жатқан кепинликке, өзлери көрген Ийемизге қараўға шақырмайды. Бизлер олсыз-ақ олардағы өзгерислерди көремиз. Хош Хабарларда аты аталған адамлардың «Елшилердиң ислери» китабында пүткиллей өзгерип, жаңа адам болғанын көремиз. Өз Басшысының өлими оларды езген, олар үмитин жойтқан ҳəм түңилген еди. Бирақ, олар «Елшилердиң ислери» китабында Ийемиз Ийса Масихтың аты ушын өмирлерин қəўип астына қоятуғын ҳəм дүньяны астан-кестен қылатуғын адамларға айланады.
Оларды өзгериўге не мəжбүр етти? Олардың жаңа исеними, күши, қуўанышы ҳəм сүйиспеншилигиниң тийкарында не бар еди? Елиўинши күн ҳəм Мухаддес Руўхтың келиўи болса керек. Деген менен, Мухаддес Руўх Ийса өлимнен қайта тирилип, аспанға кеткеннен кейин ғана келди-ғо. Демек, өлимнен қайта тирилиў ғана оларда əдеп-икрамлылық ҳəм руўхый күшлерди пайда еткен. Бул жерде еки мысалды атап өтсек болады. Бириншиси, бул — Симон Петр. Ийса өлимге ҳүким етилип, атанақ ағашқа шегеленгенде, Петр қайғы ҳəм албыраўды бастан кеширди. Ол Масихтан үш рет танды. Ол өмиринде Ийсаның ҳеш қандай тəсири болмағандай, ғарғанып, ант ишти. Ол түн ишинде өкирип жылады. Ийсаның өлиминен соң, ол «яҳудийлерден қорққанлығы себепли», руўхы пүткиллей түскин ҳалда қапылары илик болған үйдеги басқа шəкиртлерге қосылды.
Бирақ, бизлер даўам етип оқысақ, бəлким Ерусалимдеги сол үйдиң текшесинде турып, ол үлкен аламанға батыллық пенен, күшли түрде ўаз айтқанын, ҳəтте, үш мың адам Масихқа исенип, суўға шомылдырыў рəсиминен өткенин көремиз. «Елшилердиң ислери» китабын даўам етип оқыйтуғын болсақ, Петрдиң Ийсаны өлимге ҳүким еткен Жоқарғы кеңеске қарсы сөйлегенин, Ийса ушын хорланғанда қуўанғанын, кейин ала өзи де өлимин күтип, қамақта жатқанын көремиз.
Симон Петр жаңа адам болды. Ол өз атына сай болып, ҳақыйқый жартасқа айланды. Оны не өзгертти?
Екинши мысал ретинде Яқып ҳаққында айтатуғын болсақ, ол Ерусалимдеги исениўшилер жəмəəтинде басшы болды. Ол «Ийсаның инилериниң» бири еди ҳəм барлық Хош Хабарларда айтылғанындай: «Оған, ҳəтте, инилери де исенбейтуғын еди», — делинген. Бирақ, бизлер «Елшилердиң ислери» китабының биринши бабын оқысақ, Лука үйде жыйналған шəкиртлерди атап өтип, дизимди мынадай сөзлер менен «Оның туўысқанлары менен бирликте» деп жуўмақлайды. Енди Яқып сөзсиз исениўши адам болды. Оны не өзгертти? Павел Коринфлилерге жазған 1-хатындағы 15:7 Ийсаның кимлерге көрингенин атап өтип, кейин «Яқыпқа да көрингенин» айтады.
Петрдиң қорқынышын батыллыққа, Яқыптың гүманын исенимге айландырған өлимнен қайта тирилиў болды. Ийсаның қайта тирилгени себепли шемби күнге дем алыс екшемби күнине, ал иудаизмниң қалдығы масихый жəмəəтке айланды. Усы қайта тирилиў парисей Саулды елши Павелге айландырды. Ол бурын өзи қуўдалап, жоқ қылмақшы болған динин жəриялап, ўаз айтты. «Ҳəммеден кейин маған да көринди», — деп жазады Павел. Өлимнен қайта тирилиў ҳаққында гүўалықлар усылардан ибарат. Дене ғайып болды. Кепинликке ҳеш ким қол тийгизген емес. Ийемизди адамлар көрди. Шəкиртлер өзгерди. Булардың ҳəммесин: «Ийемиз ҳақыйқаттан қайта тирилди!» — деген тастыйықлаў менен түсиндириўге болады.
Бул үш бөлимде бизлер тарийхтағы ең əжайып тулға болған Насыралы əпиўайы ағаш устасын сыншыллық пенен үйрендик. Ол жарлы болды, ўаз айтты ҳəм жынаятшы алыўы керек болған өлим жазасын алды.
Ийсаның сөзлери таң қалдыратуғын еди
Бизлер Ийсаны руўхый минсиз деп қабыл етемиз.
Ол өлимнен қайта тирилди.
Гүўалықлардың барлығы жуўмақ шығарыў ушын жеткиликли.
Усы жуўмаққа келип болып, ақыллылық пенен исенимли қəдем таслап, Оның алдында дизе бүгемиз ҳəм гүманшыл Томас сыяқлы: «Ийем мениң, Қудайым мениң!» — деймиз.
II
АДАМНЫҢ МҮТƏЖЛИГИ
5
Гүнаның раслығы ҳəм келип шығыўы
Бизлер Насыралы Ийсаның айрықша Қудайлық тə бияты ҳаққында гүўалықларды үйрениўге көп ўақыт ажыратқан едик. Бул арқалы Ийсаның Ийемиз ҳəм Қудайдың Улы екенине көзимиз жетти. Жаңа Келисим тек Оның ким екенин айтып өтпей, Оның не ушын келгенин де сөз етеди. Ийса тек Ийе сыпатында емес, ал гүнакарлардың Қутқарыўшысы сыпатында да мəлим болды. Негизинде, бул еки нəрсе ажыралмас болып, Ийсаның ислериниң тəсири Оның Қудайлығына байланыслы. Ийсаның ислерин баҳалаўымыз ушын, тек Оның ким екенин билип қоймастан, өзлеримиздиң де ким екенимизди билиўимиз керек. Бул — бизлер ушын исленген ис болып, ол адамлардың мүтəжликлерин қандыра алатуғын тек жалғыз Адам тəрепинен иске асырылды. Бул ис Оның Қудайлығы себепли орынланды. Бизлер гүналарымыз себепли мүтəжбиз. Бизлер Оның қəбилетлерине исендик. Ал ҳəзир мүтəжликлеримизди ашық айтыўымыз керек.
Масихтың гүнасыз ҳəм даңққа ийе екенин, ал өзлеримизде гүна ҳəм шерменделик бар екенин түсинсек ғана, өзлеримиздиң ким екенимизди ақырына дейин түсинип жете аламыз. Оның бизлер ушын не ислегенин ҳəм бизлерге не бермекши екенин биле аламыз. Өзлеримизде қандай аўырыў барлығын билсек ғана, бизлер буйырылған дəрилерди қабыл етиўге қайылшылық беремиз.
Гүна онша жағымлы емес тема болып, адамлар масихыйларды усы теманы бəрқулла мыжый береди деп, əшкаралайды. Бирақ, масихыйлар бул исти ҳақыйқатшыл болғанлығы себепли ислейди. Гүна — бул исениўшилер жəмəəтиндеги жетекшилер жумыссыз қалмаў ушын ойлап тапқан нəрсе емес, ал адамзат тəжирийбесинде ҳақыйқаттан бар болған зат.
Соңғы жүз жыллардың тарийхы жаўызлық тек адамлар жəмийетинде емес, ал адамның өзинде жайласып алғанын көп адамларға дəлийллеп берди. XIX əсирде либераллық оптимизм гүлленген еди. Сол ўақытлары адам тəбиятының негизинде жақсылық болады, ал жаўызлық наданлық ҳəм турмыс жағдайдың жаман болғанлығы себепли пайда болады, адамларға билим ҳəм социаллық жағдай биргеликте бахытлы ҳəм еркин жасаўға мүмкиншилик жаратып береди, деген пикир кең тарқалған еди. Деген менен, бул қыялый пикирлерди тарийхтың қатал ҳақыйқаты сындырып жиберди. Шет еллерде билим алыў мүмкиншилиги тезлик пенен тарқалып, көплеген қəўендер жəмийетлер дүзилди. Солай болса да, еки урыста да болған ҳайўаншылықлар, соңынан болған халықаралық алаўызлықлар, сиясий езиўшилик, расалық хорлық, зорлық пенен жынаятшылықтың көбейиўи көп адамларды ойландырды ҳəм олар ҳəр бир адамда өз-өзин сүйиўдиң беккем тамыры бар екенин мойынлады.
Бизлер раўажланған жəмийетте өз-өзинен болыў керек деп есаплаған нəрселердиң көбиси адамларда гүна жасайды, деген пикирге тийкарланған. Нызамлардың дерлик ҳəммеси адамларға исениўге болмайды, себеби оларды өз тартысларын əдиллик пенен, өз мəпин гөзлемей шешеди деў қыйын, деген пикир бойынша пайда болды. Ўəде бериў жеткиликли емес, бизлерге келисим керек. Қапы жеткиликли емес, оларды гилт пенен қулпырып, илгиш пенен илдириў тийис. Жол ғəрежетин тек төлеп қойыў жеткиликли емес, ал билетлерди басып шығарыў, тексериў ҳəм жыйнаў керек болады. Нызам ҳəм тəртип жеткиликли емес, ал олардың орынланыўы ушын полиция керек болады. Булардың ҳəммеси адамның гүнасы себепли усылай болды. Бизлер бир-биримизге исене алмаймыз. Бизлер өзлеримизди бир-биримизден қорғаўымыз керек. Бул — адам тəбиятын айыплаўшы қорқынышлы сөзлер.
Гүнаның улыўмалығы
Мухаддес Китап авторларының пикири бойынша, адамзаттың гүнасы улыўма болып есапланады. Сулайман Ибадатхананы Қудайға бағышлаған ўақытта дуўа етип: «Гүна ислемейтуғын адам жоқ», — деген еди. Ал Ўазшы китабының авторы: «Жер жүзинде жақсылық ислейтуғын, бирақ гүна ислемейтуғын ҳақ адам жоқ», — дейди. Забур китабындағы көп жырлар адамзаттың гүнасы улыўма екенлигин қайғырып айтады. 13-жырда Қудайсыз ҳəм ақылсыз адам былай сүўретленеди:
Жыршылардың ҳүжданы оларға билдирип, егер Қудай турып, адамды ҳүким етсе, бирде-бир адам жазадан қашып қутыла алмайтуғынын айтады. «Егер Сен Жаратқан Ийе, Нызамсыз ислерди қөретуғын болсаң, ким Сениң алдыңда тура алады?» (129-жыр, 3-аят). Сол себепли: «Сонлықтан қулыңды қатал жазалама, өйткени Сениң алдыңда бирде-бир ҳақ адам жоқ», — деп дуўа етеди.
Пайғамбарлар да жыршылар сыяқлы, ҳəмме адамлардың гүнакар екенлигин беккем тастыйықлайды ҳəм Ийшая пайғамбардың китабының екинши бөлиминдеги еки тастыйықлаў ең анық тастыйықлаўлар болып табылады: «Ҳəммемиз адасқан қойлар сыяқлы өз жолларымыз бенен жүрдик» (53:6) ҳəм «Ҳəммемиз напəк болып қалдық, пүткил ҳақлығымыз да патас кийим сыяқлы болды» (64:6).
Бундай сөзлер тек Ески Келисимде жазылмаған. Павел «Римлилерге жазған хат» ын усындай сөзлер менен баслап, ҳəмме адамлар: еврейлер де, басқа миллет адамлары да Қудай алдында гүнакар екенлигин биринши үш бабында сөз етеди. Павел басқа миллет адамларының əдеп-икрамлылығы төмен дəрежеде екенлигин, бирақ еврейлер де олардан жақсырақ емеслигин айтады. Еврейлер Қудайдың Мухаддес Нызамына ийе болса да, оны басқаларға үйретсе де, өзлери оны бузатуғынын билдиреди. Кейин Павел Забур жырларын келтирип өтеди ҳəм Ийшаяның китабынан сөзлер айтып, усы теманы кеңирек ашады ҳəм: «Себеби адамлар арасында ҳеш қандай айырмашылық жоқ. Өйткени ҳəмме гүна ислеген ҳəм Қудайдың салтанатынан айырылған», — деп жуўмақ шығарады. Юхан да усы пикирди даўам еттирип: «Гүнамыз жоқ десек, өз-өзимизди алдаған боламыз, егер гүна ислемедик десек, Қудайды өтирикши қылып қоямыз», — дейди (Римлилилерге хат 3:22-23; Юхан 1-х 1:8,10).
Бирақ, гүнаның өзи не? Ол ҳəммеде де бар, бирақ ол қаяқтан келип шыққан? Мухаддес Китап буны бир неше сөз бенен сүўретлейди. Бул сөзлерди еки топарға бөлип, надурыс минез-қулықты қарап шығыўға болады. Бир сөз арқалы гүнаға алжасыў, үлкен қəте деп қараўға, ал басқа сөз арқалы нышанаға туўры барып тиймеген оқ деп қараўға болады. Ал, үшинши сөз арқалы оны жақсылыққа ҳəм ылайықлы нəрсеге туўры келмейтуғын жаўызлық қылып көрсетиўге болады.
Басқа бир көз-қарас бойынша, гүна — бул айып ис. Оны шегарадан нызамсыз түрде өтиўдей бир ис деп түсиндириўге болады. Жəне де, гүнаны нызамсызлық, əдилликти бузып, исленген айыплы ис деп түсиндириўге болады.
Бундай пикир жүргизиўшилер əдеп-икрамлық өлшемлери барлығын түсинеди. Бизлер қандай да бир идеалға жете алмаймыз ямаса нызамды бузамыз. «Ким де ким жақсылық ислеўди билсе де, оны ислемесе, гүна қылған болады (Яқыптың хаты 4:17). Бул болымсыз жағдай. «Гүна ислеген адам нызамсызлық ислеген болады. Себеби гүнаның өзи — нызамсызлық», — дейди Юхан. Бул болымлы жағдай.
Мухаддес Китап адамларда əдеп-икрамлылық бойынша ҳəр түрли өлшемлер бар екенин айтады. Яҳудийлерде Муўсаның Нызамы, ал басқа миллет адамларында ҳүждан нызамы бар. Бирақ, адамлардың ҳəммеси нызамды бузды ҳəм өзлери дурыс деп есаплайтуғын өлшемлерге туўры келмейди. Әдеп — икрамлылық кодекси дегенимиз не? Ол Муўсаның ямаса Ийсаның нызамы болыўы мүмкин. Ол ылайықлы ҳəм ҳəмме тəрепинен қабыл етилген ямаса жəмийет талап еткен нəрселер болыўы итимал. Ол буддистлердиң адамгершиликке алып барады деп есаплайтуғын сегиз текшеден турыўшы жолы ямаса мусылманлардың бес парызы болыўы мүмкин. Бирақ, бизлер не қылсақ та, нызамды бəрқулла орынлап жасай алмаймыз. Бизлер өз-өзимизди ҳүким қыламыз.
Айырым жақсы адамлар ушын бул ерси көриниўи мүмкин. Олардың өз идеаллары болып, сол идеалларға өзлерин туўры келетуғындай санаўы мүмкин. Олар өзлерин тереңирек изертлеп көриў менен шуғылланбайды, өзлерин ҳəдден тыс əшкараламайды. Гейпара ўақытлары өзлериниң қəтелесетуғынын, минез-қулқында надурыс нəрселердиң бар екенин биледи. Бизлер еки нəрсени еске алмағанша, булардың бəри түсиникли болады. Бириншиден, бизлердиң өлшемлеримиз қəншелли жоқары болса, жеңилгенимизди сезиниўимиз де күшлирек болады. Ҳəрекет етпей турып, жоқары секире аламан деп ойлаў аңсат. Екиншиден, Қудай ушын ҳəр бир истиң қандай нийет ҳəм қандай мақсетте исленгени əҳмийетли. Ийса бул туўралы Өзиниң таўдағы ўазында айтқан еди. Булар бойынша, Шығыў китабындағы 20-бапта айтылған он буйрықты алып, оған өзлеримиздиң өлшемимиз сыпатында қарап, ҳəр биримиз оларға туўры келемиз бе я жоқ па, соны көрип шығайық.
10 буйрық
Бул — Қудайдың адамға Өзине қалай сыйыныў бойынша қойған талабы. Бул нызамды қуяш, ай ҳəм жулдызларға табыныўымыз арқалы ғана бузбаймыз. Егер бизлер Қудайдан басқа нəрселерди ойларымызда биринши орынға қойып, оларды жақсы көрсек те, сол нызамды бузған боламыз. Бул қумарлы спорттың бир түри, қызықтырыўшы хоббилер ямаса менменликке бойсынған мақсет. Жəне де, бул өзлеримиз Қудайға теңгеретуғын бир адам болыўы да мүмкин. Бəлким, бизлер алтын ҳəм гүмиске, исенимли жыйналған ақша ҳəм банктеги есап бетимизге ямаса мал-мүлкимизге ағаш ҳəм тас бутларға сыйынғандай сыйынатуғын шығармыз. Бул нəрселердиң ҳеш бири өзлигинен жаман емес. Егер бизлер Қудайды емес, ал сол нəрселерди өз өмирмизде биринши орынға қойсақ, олар жаман нəрселерге айланады. Гүнаның түп-негизи — бул адамның Қудайдың орнына өзин жоқары қойыўы. Бир ўақытлары бир инглис адамы ҳаққында жазылған мына сөзлер жүдə дурыс келеди: «Ҳəмме нəрсеге өзи ерисип, өзин жаратыўшы деп табынған».
Бизлер ушын биринши буйрықты орынлаў — бул Ийсаның бизлерге айтқанындай, Ийемиз болған Қудайымызды пүткил жүрегимиз, пүткил жанымыз, пүткил ақыл-ойымыз бенен сүйип, Оның еркин жол көрсетиўши жулдыз, ал салтанатын мақсетимиз деп билиўден ибарат. Оны ойларымызда, сөзлеримизде, ислеримизде, дем алған ўақтымызда, дослығымызда ҳəм жумысымызда, ақша сарплағанымызда, жумыс ислегенде ҳəм үйде болғанымызда биринши орынға қойыўымыз тийис. Насыралы Ийсадан басқа ҳеш ким бул буйрықты орынлаған емес.
Биринши буйрық бизлер сыйынатуғын объект ҳаққында айтқан болса, екинши буйрық сыйыныўдың өзи қандай болыў кереклигин айтады. Қудай биринши буйрықта толық сыйыныў кереклигин айтса, екинши буйрықта ҳақыйқатлық ҳəм руўх пенен сыйыныўды талап етеди. «Қудай — Руўх, Оған сыйынатуғынлар да руўхта ҳəм ҳақыйқатлықта сыйыныўы тийис» (Юхан 4:24).
Бизлер ис-ҳəрекетимиз бенен бутларға сыйынбаўымыз мүмкин, бирақ сана-сезимимизде нелер бар? Ис-ҳəрекетлерди келтирип шығаратуғын кеўлимиздеги ой-нийетлер-ғо. Бизлер исениўшилер жəмəəтине қатнаўымыз мүмкин, бирақ Қудайды ҳақыйқаттан алғыслаймыз ба? Бизлер дуўа етиўимиз мүмкин, бирақ оны жүректен шығарып айтамыз ба? Мухаддес Китапты оқыўымыз мүмкин, бирақ ол арқалы Қудайдың өзлеримизге сөйлеўине жол ашып берип, Оның сөзлери бойынша жасаймыз ба?
Егер жүрегимиз бенен Қудайдан алыс болсақ, Оған қуры тилимиз бенен сыйынғанымыздың пайдасы жоқ (Ийшая 29:13; Марк 7:6). Бул — пүткиллей мəниссиз нəрсе.
Қудайдың аты Оның Өзин аңлатады. Мухаддес Китапта Оның атын ҳүрмет етиўимиз кереклиги, ал Ийемиз үйреткен дуўаны айтқанымызда: «Сениң атың Мухаддес бола берсин», — деўимиз кереклиги ҳаққында тез-тез айтылады. Қудайдың мухаддес аты ойланбай сөйлеген адамның тили менен ипласланыўы мүмкин. Бизлердиң көбимиз сөзлеримизге итибар бериўимиз керек. Буны ара-тура ислеўдиң өзи жеткиликсиз. Қудайдың атын тек сөз бенен емес, ал ойымыз ҳəм исимиз бенен босқа тилге алыўымыз мүмкин. Бизлердиң ис-ҳəрекетлеримиз исенимимизге туўры келмесе, оған қайшы болса, онда бизлер Қудайды босқа тилге алған боламыз. Қудайды «Ийемиз», «Әкемиз» деп атап, тынышсызлана бериў, екилениў де оның атынан ўаз кешиўди билдиреди. Қудайдың атын босқа тилге алыў — бул адамның сөзи менен иси туўры келмеўи. Буның өзи екижүзлилик болып есапланады.
Яҳудийлердиң дем алыс күни, яғный шемби күни ҳəм масихыйлардың дем алыс күни, яғный екшемби күни Қудай тəрепинен тастыйықланған. Жети күнниң биреўин айрықша қылып қойыў — бул адамлардың қəлеўи ямаса жəмийеттиң талабы емес. Бул — Қудайдың жобасы. Дем алыс күнин Қудай адамлар ушын жаратқанын Ийса айтқан еди (Марк 2:27). Қудай адамды жаратты ҳəм ол ушын, оның мүтəжликлери ушын дем алыс күнин де жаратты. Адамның денесине ҳəм басына дем алыў, ал оның руўхына сыйыныў мүмкиншилиги керек. Солай етип, дем алыс күни — бул дем алыў ҳəм сыйыныў күни.
Бизлер дем алыс күни тек өз мəпимиз ушын ис тутпаўымыз тийис. Усы күни басқаларды қурыдан-қуры мийнет етиўге мəжбүр қылмаўымыз ушын, бизлер ҳəммениң мəпи ушын барлығын ислеўимиз керек. Демек, екшемби күни — Қудай ушын ажыратылған мухаддес күн. Бул күн бизлерге емес, ал Қудайға тийисли күн. Сонлықтан оны Қудайдың қəлеўи бойынша, яғный тек өз ҳəзлигимизди ойлап емес, ал Оған сыйынып ҳəм хызмет етип өткизиўимиз керек.
Бул Қудайдың Нызамының биринши бөлимине тийисли болған бесинши буйрық болып, ол бизлердиң Қудай алдындағы ўазыйпамыз ҳаққында айтады. Балалық ўақтымызда, ата-анамыз бизлер ушын Қудайдың бийлигине ийе. Бирақ, сондай болса да, жаслар үйде өзлерин жоқары тутып, итибарсызлық қылады. Қəдирин билмей, менменлик көрсетиў ҳəм ата-ананы шəртли түрде ҳүрметлемеў ҳəм жақсы көрмеў аңсат ис.
Ата-анамызға тез-тез хат жазып, оларды барып көремиз бе? Мүмкин, оларға ақшалай жəрдем бериў керек шығар? Буны ислеў қолымыздан келсе де, ислеўден бас тартып атырған шығармыз.
Бул тек адам өлтириўди қадаған қылыў дегенди аңлатпайды. Егер адам көзи менен өлтире алғанда, көп адамды өлтирген болар еди. Ҳəтте, сүйектен өтетуғын сөзлер менен өлтириўге болады. Биреўге себепсиз ашыўланыў ҳəм адамлардың кеўлине тийиў де гүна екенин Ийса айтқан еди. Юхан да: «Туўысқанын жек көрген адам — адам өлтириўши», — деген еди (Юхан 1-х 3:15). Адам өзин басқара алмай, қызбалыққа берилсе, күшли қəҳəрленип, қатты қапа болса ҳəм өш алыўды қəлесе — булар да адам өлтириўге жатады. Адамды табалап, ол туўралы өсек айтыў арқалы оны өлтириўге болады. Жəне де, немқурайдылық пенен қараў, жаўызлық ислеў, жəбир бериў ҳəм қызғаныш пенен де өлтириўге болады. Мүмкин, бизлер де усындай ис-ҳəрекетлерди ислеген шығармыз.
Бул буйрық тек некеге байланыслы болмай, ол еле де кеңирек қолланылады. Ол өз ишине некеде турмай жынысый қатнас жасаў, қас қағып, көз ойнатыў, өзи менен өзи жынысый ис-ҳəрекет ислеўди де қамтыйды. Жəне де, буған жынысый ҳарамылық, некедеги өзимшиллик, ажырасыў, порнографиялық əдебиятларды оқыў ҳəм напəк қыялларға берилиў де жатады. Ийса булардың ҳəммесин: «Ким де ким бир ҳаялға бузық нийет пенен қараса, ол əлле- қашшан-ақ кеўлинде оның менен неке ҳадаллығын бузған болады», — деген сөзлер менен түсиндирген еди.
Солай етип, биреў адам өлтирмесе де, кеўлинде солай ислеў нийети болса, ол адам өлтирген болып есапланғанындай, кеўлинде бузық нийети болған адам да неке ҳадаллығын бузған болады. Бул буйрықты бузыў Қудайдың мухаддес ҳəм əжайып сыйын хорлаў менен бирдей.
Урлық ислеў — бул бир адамға тийисли болған ямаса ол ийелик ететуғын бир нəрсени урлаўдан ибарат болып табылады. Тек ақша ямаса мал-мүлк урлаў арқалы ғана бул буйрық бузылмайды. Ал, салық төлеўден мойын таўлаўдың өзи де урлық болып есапланады. Урлыққа бажыхана тексериўинде алдаў, толық күш сарплап жумыс ислемеў де жатады. Бул дүнья шеберлик пенен алдаў деп атаған исти Қудай урлық деп атайды. Адамларды көбирек жумыс ислеўге мəжбүрлеп, оларға қосымша ис ҳақы төлемеў де бул буйрықты бузған болып есапланады. Мүмкин, арамыздағы тек айырымлар ғана бəрқулла майда — шүйдесине дейин өзиниң жеке ислеринде ҳəм саўдада ҳадал болған шығар.
Бир нəрселерди қадаған етиўши бул буйрықлардың болымлы тəреплери де бар. Адам өлтириўден аўлақ болыў ушын, ден саўлықты сақлап, басқаларға ғамхор болыўға барынша күш сарплаў керек. Неке ҳадаллығын бузыўдан адам тек өзин тыйыўы жеткиликли емес. Ал, ер адам менен ҳаял адам арасында өз-ара дурыс ҳəм саў қарым-қатнас болып, бир-бирин ҳүрмет етиўи керек. Солай етип, урлық ислеўден аўлақ болыў қандай да бир айрықша қəсийетке ийе болыў дегенди аңлатпайды. Адам сықмар ҳəм жаўыз болыўы да мүмкин. Павел ушын урлықшының тек урлықты қойыўы жеткиликсиз еди: урлықшы мийнет ислеўди баслаўы керек еди. Ҳəтте, ол мүтəж болған адамларға жəрдем бериў мүмкиншилигине ийе болыў ушын ҳадал мийнет етиўи зəрүр.
Соңғы бес буйрықта басқа адамлардың ҳақ-ҳуқықларын ҳүрмет етиў, яғный оларды ҳақыйқаттан жақсы көриў деген түсиникти өз ишине алады. Бул буйрықларды бузыў басқа биреўге тийисли болған ең қəдирли нəрселерди урлаў болып табылады. Мысалы: адамның өмирин («адам өлтирме»), оның хожалығын ҳəм намысын («неке ҳадаллығын бузба»), мал-мүлкин («урлық ислеме»), атақ-абройын (жаныңдағы адам ҳаққында жалған гүўалық берме»).
Жалған гүўалық бериў тек суд исине байланыслы емес. Ол өз ишине жалған гүўалық бериў, урыс, жала жабыў, өтирик-өсек сөзлер, барлық жалған нəрселер ҳəм ҳақыйқатлықта биле тура бөрттириў ямаса бурмалаў сыяқлы нəрселерди де алады. Бизлер надурыс өсеклерге қулақ асып, сол өсекти өзлеримиз де тарқатып, жалған гүўалық бериўимиз, басқаларды ҳəзил қылып, қəте пикир туўғызыўымыз, натуўры көз-қарасларды дүзетиўдиң орнына үндемей қалыўымыз да мүмкин.
Бул буйрық басқа буйрықларға қарағанда, көп нəрселерди кеңирек ашып береди. Ол ишимиздеги əдеп-икрамлық кодексин əдеп-икрамлық өлшемине айландырады. Пуқаралық нызам бизлерди тек урлық ислегенимиз ушын жазалай алады. Ол бизлерди ишимизде урлық ислеўге деген қəлеў болғаны ушын жазалай алмайды. Күншиллик адамның ишинде, оның жүреги менен сана-сезиминде жайласқан болады. Бузық нийет неке ҳадаллығын бузыўға, ғəзеп адам өлтириўге, ал күншиллик урлыққа жатады.
Бул буйрықта күсеў қадаған етилген нəрселер бизиң заманымызда да ушырасады. Үйи жоқ адамлар қоңсысының үйине ийелик еткиси келеди ҳəм егер еркеклер өз қоңсысының ҳаялын күсемегенде, айырылысыўлар да аз болар еди. «Нəпсиқаўлық — бул бутқа табыныўшылық. Өзиңде барға қанаат етип, Қудайдың жолы менен жүриў — үлкен жетискенлик», — деп жазған еди Павел (Колоса. 3:5; Тимофей 1-х 6:6).
Жоқарыда айтылған буйрықлар арқалы қəншелли жеркенишли гүналар бар екенин көрдик. Олар бизлердиң ишимизде, сана-сезимимиздиң жасырын мүйешлеринде жайласқан. Буны басқалар көрмейди, ҳəтте, бизлер оны өз-өзимизден де жасырамыз. Бирақ, Қудай ҳəммесин көреди. Оның нəзери бизлердиң ишки дүньямыздың терең жерлерине дейин кирип барады: «Жаратылған ҳеш бир нəрсе Қудай алдында жасырын емес. Оның көз алдында ҳəр бир нəрсе ашық ҳəм аян. Бизлер усы Қудайға есап беремиз» (Еврейлерге хат 4:13). Қудай бизлерди қандай болсақ, сондай қылып көреди. Нызамның мақсети гүнаны ашып көрсетиў, себеби ол арқалы адам өзиниң гүнакар екенин билип алады (Римлилерге 3:20).
XIX əсирдиң белгили ўазшысы К. Х. Сперджен 14 жаста болғанда, өзиниң гүнакар екенин терең сезинген еди. Сонда ол еки нəрсени: Қудайдың уллылығын ҳəм өзиниң гүнакар екенлигин түсинип жетти. Сонда ол өзин қатты ылайықсыз сезди.
Мен өзим ҳаққында айтатуғын болсам, мениң өмиримди көзден өткизген адам ҳеш қандай жүдə қорқынышлы гүналарды таппаған болар еди, деп екиленбей айта аламан. Деген менен, мен өзиме өзим нəзер салғанымда, өзимде Қудайға қарсы қорқынышлы гүна көрдим. Мен басқа балалар сыяқлы өтирик алдамайтуғын, ҳийлекерлик қылмайтуғын ҳəм жаман сөзлерди сөйлемейтуғын едим. Бирақ, мен Қудайдың сөзлери жазылған Муўсаның он буйрығын оқығанымда, олардың ҳəммеси биригип, ең мухаддес Қудай алдында мени айыплағандай болды.
Қудайдың уллы ҳəм ҳақ Нызамынан басқа ҳеш нəрсе бизлерди гүнакар екенлигимизге исендире алмайды.
6
Гүнаның нəтийжеси
Бизлер адамзаттың гүнасының улыўма екенлиги ҳəм оның келип шығыўы ҳаққында айырым нəрселерди билип алдық. Бул жағымсыз теманы қойып, Масихтың қутқаратуғыны туўралы Хош Хабарды айтып өтиўди қəлесек те, бизлер буған еле таяр емеспиз. Қудайдың бизлер ушын не ислегенин ҳəм оның Масих арқалы бизлерге не бермекши екенин баҳалаўымыз ушын, гүнаның нəтийжесин түсинип алыўымыз керек болады.
Гүна сондай-ақ жүдə қорқынышлы нəрсе ме? Буны гүнаның Қудайға деген тəсири, бизлерге ҳəм басқа адамларға көрсететуғын тəсири арқалы анығырақ көре аламыз.
Қудайдан алыслаў
Егер бизлер буны ҳəзир түсинип жетпесек те, гүнаның ең қорқынышлы тəсири — бизлерди Қудайдан айырыўдан ибарат. Адамның уллы ўазыйпасы — бул Қудайды билиў ҳəм оның менен қарым-қатнас жасаў. Адамзаттың мақтанышлы түрде айта алатуғын нəрсеси — бул бизлер Қудайға уқсатып жаратылғанбыз, демек бизлер Оны биле аламыз. Бизлер биле алатуғын ҳəм билиўимиз шəрт болған Қудай — ҳақ ҳəм минсизликте шексиз. Мухаддес жазыўлар буны ҳəр тəреплеме тастыйықлайды.
«Өйткени Уллы ҳəм ең Мəртебели, мəңги жасаўшы, аты Мухаддес болған былай дейди»: Мен аспанның жоқарысында ҳəм мухаддесханада жасайман».
«Патшалар Патшасы, ҳүкимдарлар ҳүкимдары. Ол ҳеш ким жақынлай алмайтуғын нурда жасайды.
«Қудай — нур, Онда ҳеш қандай қараңғылық жоқ. Егер Оның менен қарым-қатнастамыз деп, қараңғылықта жүрген болсақ, жалған сөйлеп, ҳақыйқат бойынша жасамаған боламыз».
«Себеби бизлердиң Қудайымыз — жандырып жоқ қылатуғын от».
«Жаўыз ислерге қараў Сениң пəк нəзериңе тəн емес, жəбир берилгенде, Сен қарай алмайсаң».
Мухаддес Китапта сөз етилген Қудайдың адамлары, яғный Қудайдың салтанатын бир сəтке болса да көрген адамлар уялғанынан бир қысым болып, өз гүналарын терең сезинген еди. Қудай Муўсаға жанып турған путада көрингенде, ол Қудайға қараўға қорқып, бетин жапқан еди (Шығыў 3:1-6). Ал, Аюпқа Қудай даўыл ишинен сөйлеп, Өзиниң ең жоқары уллылығы ҳаққында айтқанда, Аюп: «Мен Сен туўралы қулағым менен еситкен едим, ал енди көзлерим Сени көрди. Сонлықтан, мен ўаз кешип, өкиниш пенен тəўбе етемен», — деген еди бақырып (Аюп 42:5-6). Ийшая Қудайды бийик ҳəм уллы тахтта отырған Израил патшасы сыпатында аянда көрген еди. Оның əтирапында Оны алғыслап, мухаддеслигин ҳəм даңқын жырлаған периштелер бар еди. Сонда Ийшая: «Ҳа-ай, сорлы басым! Мен енди өлдим! Өйткени мен напəк аўызлы адам болып, напəк аўызлы халық арасында жасасам да, өз көзим менен Патшаны, Қудай Ийени көрдим», — деди (Ийшая 6:1-6). Ал, Езекиил таң қаларлық аян көрди. Аянында қанатлы тири мақлуқлар кетип баратырған дегершикте отырған еди, олардың үстинде тахт, тахта əтирапында жарқырап турған от ҳəм айқулақ бар адамға уқсаған биреў отырған еди. Езекиил: «Ийемиздиң салтанатына уқсаған көринис болды, буны көрип, мен ет бетимнен жығылдым», — деп жазады (Езекиил 1:28-2:1).
Масихыйларға ғəзеби қайнап, Дамаск қаласына кетип баратырған тарсуслы Саул жерге жығылып, аспаннан жарқыраған нур себепли көзлери көрмей қалған еди. Сол нур күндизги қуяштан да жақты еди. Павел өлимнен қайта тирилген Масихты көргенин айтып: «Ҳəммеден соң маған да көринди», — деп жазады (Елш 9:1-9; 1 Кор 15:8).
Қартайған Юхан да Патмос атаўында сүргинде болғанда, өлимнен қайта тирилген ҳəм салтанатқа ерискен Ийсаны көрди, Оның көзлери оттың жалынындай, жүзи күшли жарқырап турған қуяштай еди. «Мен Оны көриўден-ақ, өли сыяқлы аяқларына жығылдым», — деп жазады Юхан (Аян 1:9-17).
Қудайдың еле айтылмаған уллылығын жаўып турған перде бир сəтке болса да, ашылғанда, бизлер де оған қарап тура алмаған болар едик. Ҳəзир бизлер Қудиретли Қудайдың салтанатының қандай əжайып болыў кереклигин анық көз алдымызға келтире алмаймыз. Деген менен, адасқан гүнакардың ҳеш қашан усы мухаддес Қудайға жақынлай алмайтуғынын жақсы түсинемиз. Ҳақ Қудай менен гүнакар адамның арасында терең туңғыйық бар. «Ҳақлық пенен нызамсызлықтың арасында қандай уқсаслық бар? Нур менен қараңғылықтың арасында қандай байланыс бар?» — дейди Павел (2 Кор 6:6-14).
Гүнаның бизлерди Қудайдан айыратуғыны Ески Келисим дəўиринде Мухаддес Шатыр ҳəм Ибадатхана қурылысында анық белгили болды. Мухаддес Шатыр да, Ибадатхана да еки бөлимнен ибарат еди. Биринши бөлим «Мухаддес орын», ал төрги, екинши кишкене бөлим «Ең мухаддес орын» деп аталады. Усы ишки бөлимде Қудайдың салтанаты болып, Қудай сол жерде екени билинип туратуғын еди. Еки бөлим аралығында қалың перде болып, ал Ең мухаддес орынды жаўып туратуғын еди. Қудайдың алдына кириўге бас руўханийден басқа ҳеш кимге рухсат етилмейтуғын еди. Бас руўханий сол жерге жылына бир рет Қутқарылыў күнинде, онда да өзи менен бирге гүна ушын сойылған қурбанлықтың қанын алып келген жағдайда ғана киретуғын еди.
Ески ҳəм Жаңа Келисим авторлары усылар арқалы Израиллыларға гүна айырылыў алып келетуғыны, ал айырылыў — бул руўхый өлим болып, адам ҳақыйқый өмирдиң тийкары болған Қудайдан айырылатуғынын түсиндирип айтқан еди. «Гүнаның төлеми — өлим».
Жəне де, егер бизлер бул дүньяда Ийса Масихтан биле тура ўаз кешсек (бизлер тек Ол арқалы ғана мəңгилик өмирге бара аламыз), онда келеси дүньяда мəңгиге өлемиз. Дозақ — бул ашшы ҳəм қорқынышлы ҳақыйқатлық. Ҳеш кимге өзлериңизди алдаўына жол қоймаңлар. Ийсаның Өзи дозақты Қудайсыз болғанлықтан мəңгиге қараңғы орын деп атаған еди. Ал Қудай — бул нур. Мухаддес Китапта дозақты «екинши өлим», «от жанған көл» деген сөзлер менен атайды. Бул сөзлер тымсалый сөзлер болып, олар мəңгилик өмирди жойытқан, Қудайдан мəңгиге айырылған адам жанының аҳыў-зарын сүўретлейди (Матта 25:30; Аян 20:14-15; Лука 16:19-қə қараң).
Адамның гүна себепли Қудайдан айырылыўы ҳаққында тек Мухаддес Китап ғана сүўретлемей, бул адам өмириндеги тəжирийбе арқалы да көринеди. Мен бала ўақтымда дуўа етип, Қудай менен ушырасыўға тырысқаным ҳəм сонда қатты қысынғаным еле ядымда. Қудай маған думан менен қапланғандай, мен оған жақынлай алмайтуғындай көринер ҳəм мен буларды ҳеш түсинбей-туғын едим. Ол мен ушын узақ ҳəм мениң менен байланысы жоқ болып көринетуғын еди. Енди мен буның себебин билип алдым. Ийшая маған былай деп жуўап берди:
«Минекей, Қудайдың қолы қутқарыў ушын қысқарып қалмаған, қулағы да еситиў ушын аўырласпаған болар еди, бирақ сизлердиң нызамсыз ислериңиз Қудай менен сизлердиң араңызға айралық салды, гүналарыңыз себепли, Ол жүзин сизлерден терис бурады, сизлерди еситпеў ушын солай ислейди».
Еремияның жоқлаўы китабында айтылғанындай, бизлер де Қудайға: «Бизлердиң дуўаларымыз жетип бармаўы ушын, Сен Өзиңди булт пенен жаптың», — деп айтқымыз келеди. (Еремияның жоқлаўы 3:44). Бирақ, негизинде булт ушын Қудай емес, ал бизлердиң өзлеримиз айыпкермиз. Булт қуяшты қалай жабатуғын болса, бизлердиң гүналарымыз себепли Қудай да бизлерден жүзин беккем қылып жаўып таслайды.
Көп адамлар маған усындай бослықты сезингенин мойынлаған еди. Қыйын сəтлерде, қəўипли жағдайда, қуўанышта ямаса қуўанышлы нəрсени тамамлағанда, адамлар өзлерин Қудайдан алыс сезеди ҳəм өзлерин Қудай таслап кеткендей көреди. Бирақ, булар тек сезим емес, ал ҳақыйқатлық. Гүналарымыз кеширилмегенше, бизлер өзлеримиздиң ҳақыйқый үйимизден узақ болып, гезенделикте жүремиз. Бизлерде Қудай менен қарым-қатнас болмайды. Мухаддес Китап тили менен айтқанда, бизлер наҳақ ислеримиз ҳəм гүналарымыз себепли, «адасқан» ҳəм «өли» адамлар боламыз.
Ҳəзирги заман ер ҳəм ҳаялларының тəшиўишин усылай түсиндирсек болады. Адамлардың руўхында тек Қудай қандыра алатуғын ашлық ҳəм тек Қудай толтыра алатуғын бослық бар. Таң қалдырыўшы жаңалықлар, мухаббат ҳəм детективлик фильмлер, пляж ҳəм барлар, белгили адамлар ҳаққында өсеклер ҳəм кеўил ашар нəрселер, наркотиклердиң ҳəзирги замандағы эпидемиясы, секс ҳəм зорлыққа деген талаплар булар адамлар кеўил көтериў ушын пайдаланатуғын нəрселер. Адамлар өзлерин усы нəрселер менен тынышландырып, Қудайдан узақласады. Августин өзиниң «Мойынлаў» деген китабының басында мына жийи-жийи қолланылатуғын сөзлерди келтирип, дурыс айтқан еди: «Сен бизлерди Өзиң ушын жараттың, Сеннен тынышлық алмағанша, бизлердиң кеўиллеримиз тынышлық таппайды». Бул жүдə қайғылы жағдай. Адам Қудайдың өзине берген нəрсесин қолдан шығарады.
Өз-өзиңе қул болыў
Гүна адамды Қудайдан алыслатып қоймай, адамды өзине қул қылады, яғный тутқын қылып қояды.
Енди бизлер гүнаның «ишки тəрепи»н көрип шығыўымыз керек. Бул тек сырттан қарағанда табыссыз болған ис ямаса əдет емес, ал олардан да күшлирек болған ишимизде терең жайласқан бузылыўдай нəрсе. Улыўма алғанда, бизлер ислейтуғын гүналар арқалы ишимиздеги руўхтың аўырыў екени билинеди. Ийса терек ҳəм оның мийўелери ҳаққында тымсал айтқан еди. Теректиң қандай мийўе бериўи (мысалы: əнжир ямаса жүзим) ҳəм сол мийўелердиң сыпаты (жақсы ма, я жаман ба) теректиң өзине байланыслы. «Аўыздан шыққан кеўилден шығады».
Булар бойынша Ийса Масих ҳаққында ҳəзир көплеген жəмийетлик реформаторлар ҳəм революционерлер сөз қылмақта. Әлбетте, бизлерге өз билимимиз, əтирапымыздағы адамлар, өзлеримиз жасап атырған сиясий ҳəм экономикалық система жақсы ямаса жаман тəсир жасайды. Бизлер ҳəмме ушын əдиллик, азатлық ҳəм абаданшылықты гөзлеўимиз тийис. Деген менен, адамзат жəмийетиндеги жаманлық ҳаққында айтқанда, Ийса усы азатлық ҳəм əдилликтиң жетиспейтуғынын, яғный адам тəбиятында олардың азлығын билдирген еди. Ийса былай деген еди:
«Өйткени иштен, адамның кеўлинен жаман ойлар, бузықшылық, урлық ислеў, адам өлтириў, неке ҳадаллығын бузыў, нəпсиқаўлық, жаўызлық, алдаў, азғынлық, күншиллик, масқаралаў, менменлик, ақылсызлық шығады. Бул жаманлықлардың барлығы адамның ишинен шығып, оны ҳарамлайды».
Ески Келисим усы ҳақыйқатлық ҳаққында үйреткен еди. Еремия: «Адам тəбияты жүдə бузылған: оны ким биле алады?» — деген еди (Еремия 17:9). Негизинде Мухаддес Китапта адам тəбиятының усы аўырыўы ямаса биринши гүна туўралы көп сөз етилген. Бизлер оны мийрас етип аламыз, ол бизлерде терең жайласқан болып, мыңлаған жарамсыз ис-ҳəрекетлерди келтирип шығарады. Павел адам тəбиятының жаман қəлеўлери ҳəм олардың ислери ҳаққында айтып:
«Адамның гүнакар тəбиятының ислери аян, олар: неке ҳадаллығын бузыў, ҳарамылық, бузықшылық, бутпаразлық, сыйқыршылық, душпанлық, жəнжелкешлик, күншиллик, ғəзеп, менменлик, алаўызлық туўдырыў, бөлиниў, қызғаншақлық, мəскүнемлик, айшы-əширет ҳəм усыларға уқсаған нəрселер», — деген еди.
Гүна — бул адам тəбиятының иштен бузылыўы болғанлықтан, бизлер тутқындамыз. Бизлерди қандай да бир əдетлеримиз ямаса ис-ҳəрекетлеримиз қул қылып қоймай, олар гүна деген бизлердиң аўырыўымыз тийкарында пайда болатуғын нəрселер. Жаңа Келисим бизлерди көп рет гүнаның қуллары қылып көрсетеди. Бизлер буған қапа боламыз. Деген менен, бул ҳақыйқат нəрсе. Ийса мына сөзлерди айтқанда, айырым парисейлердиң ашыўына тийген еди: «Егер Мениң сөзлерим бойынша жасасаңлар, ҳақыйқый шəкиртлерим боласызлар. Сизлер ҳақыйқатты билип аласызлар, ҳақыйқат сизлерди азат қылады» (Юҳ. 8:31, 32).
Олар наразылық билдирип: «Бизлер — Ибрайымның урпағымыз. Ҳеш қашан ҳеш кимге қул болмағанбыз. Неге: «Азат боласызлар», — деп атырсаң?» — деди.
Ийса оларға: «Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: гүна ислейтуғын ҳəр бир адам — гүнаның қулы», — деп жуўап берген еди.
Павел өз хатларында гүна бизлерге қандай хорлық алып келетуғыны ҳаққында бир неше мəртебе сүўретлеген еди: «Бурын гүнаның қулы болған сизлер...»
«Бир ўақытлары бизлердиң ҳəммемиз де өз гүнакар тəбиятымыз бойынша жасап, денемиздиң ҳəм ой-нийетимиздиң жаман қəлеўлерин орынладық».
«Себеби бир ўақытлары бизлер де ақылсыз, қулақ аспайтуғын, адасқан, ҳəр түрли жаман ҳəўеслер менен ҳəлсизликлердиң қулы болған едик».
Бизлерде өз-өзимизди бийлеўге күшиздиң аз екенлигин Яқып тилди тыйыўдың өзи бизлерге қəншелли қыйын болатуғыны арқалы көрсетеди. Ол: «Егер ким де ким сөйлегенде қəте қылмаса, ол пүткил денесин бойсындыра алатуғын минсиз адам болғаны», — деп айтып, «тил де денениң кишкене бир мүшеси болса да, көп мақтанады», — деп түсиндиреди. Тилдиң от, тоқтатып болмайтуғын жаманлық ҳəм өлтириўши зəҳəрге толы екенин, бизлер ҳəр түрли ҳайўанларды, қусларды, қолға үйретемиз, бирақ тилди ҳеш ким бойсындыра алмайтуғының билдиреди (Яқып 3:1-12).
Булардың ҳəммеси бизлерге жүдə таныс. Бизлер уллы идеалларға ийемиз, бирақ еркимиз ҳəлсиз. Бизлер ҳақ өмир кеширгимиз келсе де, өз менменлигимизге байланғанбыз. Қəншелли өз азатлығымыз бенен мақтансақ та, негизинде бизлер қулмыз. Жақсысы, Қудайға барып, Оған:
Бизлерге өзлеримизди қалай услап тутыўымыз бойынша ҳеш ким ҳеш нəрсени мəжбүрий ислете алмайды. Қудай бизлерге: «Ислеме» десе, бизлер бəрибир де даўам етип, сол исти ислей беремиз. Ақыл — нəсият бериў машқаланы шеше алмайды. Бизлерге Қутқарыўшы керек. Жүрегимиз өзгермей турып, сана-сезимимиз өзгермейди. Адамзат физикалық күш пенен ядер реакциясының күшиниң сырын ашты. Енди адамзатқа өзинен азат болыўға, өзин бойсындырып, өзин басқарыўға руўхый күш керек болады. Оған өзиниң илимий жетискенликлери сыяқлы руўхый жетискенлик беретуғын күш керек.
Басқа адамлар менен келиспеўшилик
Бизлердиң гүналарымыздың қорқынышлы нəтийжелери еле толық емес, бизлер жəне бир нəрсени, яғный гүнамыздың өзлеримиздиң басқа адамлар менен болатуғын қарым-қатнасықларымызға қандай тəсир көрсетуғынын қарап шығайық.
Алдын қарап шыққанымыздай, гүна — бул бизлердиң тəбиятымызда терең орналасып алған кеселлик. Ол бизлердиң қақ орайымызда беккем жайласып алған болып, бизлерди басқарады. Улыўма алғанда, гүна — бул бизлердиң өзлеримиз. Бизлер Қудайға ямаса адамға қарсы ислеген гүнамыз арқалы өзлеримиздиң ким екенимизди тастыйықлаймыз. Он буйрық бир нəрселерди ислеўди қадаған етеди ҳəм бизлердиң Қудай ҳəм басқа адамлар алдында ўазыйпамызды жəриялайды. Буны еле де анығырақ қылып түсиндириў ушын, Ийса Мухаддес Нызамды Лебийлилер китабындағы аятқа (19:8) Мухаддес Нызамды қайталаў китабынан аят қосып айтып былай деген еди: «Ийең болған Қудайыңды пүткил жүрегиң, пүткил жаның, пүткил ақыл-ойың менен сүй. Бул — биринши ҳəм ең баслы буйрық. Екиншиси де сол сыяқлы: «Өзиңди сүйгениң сыяқлы, жаныңдағы адамды да сүй. Пүткил Мухаддес Нызам да, пайғамбарлардың жазыўлары да усы еки буйрыққа тийкарланған».
Биринши буйрық бизлердиң адамлар алдында емес, ал Қудайдың алдындағы ўазыйпамыз ҳаққында айтады. Бизлер биринши гезекте Қудайды, ол соңынан басқа адамларды өзлеримизди қалай сүйетуғын болсақ, солай сүйиўимиз тийис. Солай етип, Қудайдың сөзи бойынша, бизлер Қудайды биринши орынға, басқа адамларды келеси орынға, ал өзлеримизди ең соңғы орынға қойыўымыз зəрүр. Гүнаның тəртиби басқаша. Ол өзлеримизди биринши орынға, басқаларды өзлеримизден кейинги орынға, ал Қудайды ең соңғы орынға қойдырады. Бир адам өзиниң өмир баянын жазып, оны «Қəдирли Өзим» деп атаған екен. Бизлер өзлеримиз туўралы ойлағанымызда, бизлерде де усындай сезимлер болады. Балалар байрамында музқаймақ үлестирилгенде: «Маған биринши!» деген сөзлер еситиледи. Бизлер үлкейип барған сайын, бундай сөзлерди бақырып айтыўға болмайтуғынын билип барамыз. Бирақ, бизлер ишимизден солай ойлаўды даўам ете беремиз. Биринши гүна ҳаққында айтқанда, архиепископ Уильям Гемпл бул ҳақыйқатлықты былайынша түсиндирип, жақсы билдирген еди:
«Мен — өзим көрип турған дүньяның орайынан. Жийектиң жайласыўы да, мениң қай жерде турғаныма байланыслы. Мүмкин, билим мениң ой-өрисимди кеңейтип, өзиме деген дыққатымды азайтар. Бирақ, ҳəзирше менде мынадай сезимлер бар: мен өзимди минара басына шығып, көз алдыма кеңисликти көрип турғандай, ал өзим ҳəммесиниң орайында турғандайман.
Өзимизге көбирек дыққат аўдарғанымыз бизлердиң минез-қулқымызға да тəсир етеди. Бизлерге басқа адамлар менен ийкемлесип кетиў аңсат емес. Адамларды жаман көриў ямаса оларды күнлеў, өзимизди олардан үстин қойыў ямаса пəс көриў аңсатырақ. Өйткени, бизлер өзлеримиз ҳаққында Павел айтқандай тереңирек ойланбаймыз. Айырым ўақытлары бизлер өзлеримизди аяймыз, ал бир ўақытлары менменликке берилемиз, өз билгенимизди ислеп өзлеримизди жақсы көремиз.
Турмыстағы барлық қарым-қатнаслар: ата-ана менен балалар, ерли-зайыплылар ҳəм басшы менен оның қол астындағы адамлар арасындағы қарым-қатнаслар аңсат кешпейди. Жас өспиримлердиң жынаятқа қол урыўы ҳəр түрли себеплерге байланыслы келип шығады. Хожалықтағы қəўипсизликтиң ҳəм исенимсизликтиң азлығы буған себеп болады. Жас өспиримлер жынаят ислегени арқалы өзлерин жəмийетке қарсы қояды. Егер хожалықта да адам жубайын айыплаўдан гөре, өзин көбирек айыпласа, айырылысыўлар азаяр еди. Хожалығы бузылған ерли-зайыплылар маған жағдайды түсиндиргенде, ҳəр бири ҳəр түрли қылып түсиндиреди. Айырым ўақытлары сондай болады, ерли-зайыплылар жағдайды ҳəр бири соншелли басқаша түсиндиргенликтен, екеўи еки түрли нəрсе ҳаққында айтып атыр деп ойлап қалыўға болады.
Көп урыс-қағыслар түсинбеўшилик, ал түсинбеўшилик басқа адамның пикирин ҳүрметлеўди билмегенликтен пайда болады. Бизлерге басқаларды тыңлағаннан гөре, өзлеримиз сөйлегенимиз, бойсынғаннан гөре, тартысқанымыз аңсатырақ. Бундай жағдайлар жумыс орынларында, хожалықта да ушырасып турады. Жумысшылар менен олардың басшылары арасындағы келиспеўшиликлер де еки тəреп те биринши өзлерин қəтелерин көрип, басқаларға жумсағырақ қатнаста болғанда, тынышлық пенен шешилген болар еди. Бизлер көбинесе өзлеримизге жумсақ қатнаста болып, басқалардың қəтесин жақсырақ көремиз. Тыныш емес, шийеленискен халық аралық аўҳал ҳаққында да солай айтсақ болады. Ҳəзирги замандағы қыйын жағдай да қорқыныш ҳəм ақылсызлық себепли пайда болады. Бизлер бир тəреплеме пикир жүргиземиз, яғный өзлеримиздиң жақсы тəреплеримизди асыра айтып, басқалардың кемшиликлерин барынша бөрттиремиз.
Ҳəзирги заман жəмийетиндеги қарым-қатнасларды усылай айыплаў жүдə аңсат. Бундағы жалғыз мақсетимиз — барлық машқалаларымыз бизлердиң гүнамыз ямаса өзимизге көбирек дыққат аўдарғанымыз себепли пайда болатуғынын көрсетиўден ибарат еди. Басқа адамлар менен болатуғын келиспеўшиликлеримиз де усы себепли пайда болады. Егер бизлер өзлеримизди жоқары тутыўдың орнына кишипейиллик көрсеткенимизде, барлық келиспеўшиликлер тоқтаған болар еди. Гүна тартып алады, ал сүйиспеншилик береди. Гүнаға алыў, ал сүйиспеншиликке бериў тəн қəсийет.
«Адамға керек нəрсе — бул өз тəбиятын түп-тамырынан өзгертиў», деп жазған еди профессор Х. М. Гваткин. Адам өзлигинен өзин өзгерте алмайды: оған Қутқарыўшы керек.
Гүнаны усылайынша ашық көрсеткенимиздиң себеби — бул бизлер Ийса Масих кереклигин түсиниўимиз тийис. Бизлер Оның не бермекши екенин билиўимиз ҳəм сол нəрсени алыўға таяр турыўымыз зəрүр. Исеним мүтəжлик себепли пайда болады. Өзлеримизге деген үмитимизди жойытпағанымызша, бизлер ҳеш қашан Масихқа исене алмаймыз. Ийсаның Өзи: «Шыпакерге дени саўлар емес, ал аўырыўлар мүтəж. Себеби Мен ҳақ адамларды емес, ал гүнакарларды шақырыў ушын келдим», — деген еди. Бизлер аўырыўымыздың қəншелли аўыр екенин сезгенимизден кейин ғана емлениў кереклигимизди мойынлаймыз.
III
МАСИХТЫҢ ДЕНЕСИ
7
Масихтың өлими
Масихыйлардың дини — қутқаратуғын дин. Ол гүна лардан қутқарыў ушын Қудайдың Өзи бизлерге Ийса Масих арқалы келгенин жəриялайды. Бул — Мухаддес Китаптағы баслы тема. «Сен Оның атын Ийса деп қоясаң, себеби ол өз халқын гүналарынан қутқарады» (Матта 1:21).
«Себеби Адам улы адасқанларды таўып, қутқарыў ушын келди».
«Масих Ийса бул дүньяға гүнакарларды қутқарыў ушын келди, деген сөзлер исенимли ҳəм ҳəмме адамлар тəрепинен қабыл қылыныўға ылайықлы сөзлер».
«Әке Улын дүньяның Қутқарыўшысы қылып жибергенин бизлер көрдик ҳəм бул туўралы гүўалық беремиз».
Бурын қарап шыққанымыздай, анығырақ қылып айтқанда, гүнаның үш тийкарғы нəтийжеси бар. Ал, қутқарыў усылардың ҳəммесинен азат етеди. Қутқарыўшы Ийса Масих арқалы бизлер қуўғыннан қайтып, Қудай менен жарасамыз. Бизлер жоқарыдан туўыламыз, жаңа тəбиятқа ийе болып, өзлеримизди байлап турған руўхый тусаўлардан азат боламыз. Ески келиспеўшиликлер сүйиспеншилик пенен алмасады. Масих Өзиниң қутқарыўының биринши бөлиминде азап шекти, екиншисинде Мухаддес Руўхын берди, үшиншисинде өз жəмəəтин дүзди. Бул бапта биринши бөлимди, ал келеси бапта қалған еки бөлимди қарап шығамыз.
Павел өз мийнетин «жарастырыў хызмети», ал Хош Хабар тарқатыў исин «жарастырыўшы хатлар» деп атады. Ол бул жарасыў қаяқтан келетуғынын анық көрсетип берди. Жарастырыў иси Қудайдан, Ол ҳəрекет етеди, деди Павел. Жəне де: «Буның ҳəммеси Қудайдан. Қудай Масих арқалы бизлерди Өзи менен жарастырды» (2 Кор 5:18). Жəне де: «Қудай Масих арқалы дүньяны Өзи менен жарастырды», — деди. Ийса Масихтың атанақ ағаштағы өлими арқалы қолға киргизилген нəрселердиң ҳəммесин мəңги Қудай жобалап, нийет етип қойған еди. Масихтың өлими ямаса адамлардың қутқарылыўын тəн алмаўшы əдебиятлар Мухаддес Китап тəлийматына туўры келмейди. «Себеби Қудай бул дүньяны соншелли сүйгенликтен, өзиниң жалғыз Улын берди. Оның Улына исенген ҳəр бир адам набыт болмай, мəңгилик өмирге ийе болады» (Юхан 3:16). «Себеби Қудай Өзиниң толылығының Онда болыўын мақул көрди. Масихтың атанақ ағаштағы қаны арқалы тынышлық орнатып, Қудай Ол арқалы жер ҳəм аспандағылардың барлығын Өзи менен жарастырыўды қəледи» (Кол 1:19-20). Бирақ, жарастырыў дегенимиздиң өзи не? Ол «сатып алып қутқарыў» деген сөзлер менен аўдарылады. Буны еки душпан партияның бирлесиўи, усы бирлесиўдиң олардың қуўаныш алып келиўи сыяқлы жағдайлар менен түсиндириўге болады. Павелдиң айтыўы бойынша, бизлер Ийемиз ҳəм Қутқарыўшымыз Ийса Масих арқалы жарастық. Бизлер буған өз күшлеримиз бенен ерискен жоқпыз. Ал, оны Қудайдан саўға сыпатында алдық. Гүна айралық алып келген еди, ал Ийсаның атанақ ағаштағы өлими арқалы қутқарылыў келди. Гүна душпанлықты күшейтти, ал атанақ ағаштағы өлим парахатшылық əкелди. Гүна адам менен Қудай арасына туңғыйық қойды, ал атанақ ағаштағы өлим сол туңғыйық үстине көпир салды. Гүна бизлердиң Қудай менен қарым-қатнасымызды бузды, ал атанақ ағаштағы өлим оны тикледи. Бул ҳақыйқатлықты басқаша қылып, яғный Павелдиң Римлилерге жазған хатында айтқандай қылып, түсиндириўге болады: «Гүнаның төлеми — өлим, ал Қудайдың сыйы — Ийемиз Ийса Масих арқалы берилетуғын мəңгилик өмир» (Рим 6:23).
Бирақ, қутқарылыў ушын неге атанақ ағаштағы өлим керек болады? Масихыйлық ушын ол соншелли əҳмийетли ме? Ол нелерге еристи? Енди бизлер атанақ ағаштағы өлимниң тутқан орны ҳəм əҳмийети ҳаққында ойлап көрейик.
Атанақ ағаштағы өлимниң тутқан орны
Ийсаның гүна ушын қурбан болыўы Мухаддес Китапта жүдə əҳмийетли екенин түсиниў ушын Ески Келисимге қайтайық. Ески Келисим тəлийматы ең бастан-ақ қурбанлыққа тийкарланған еди. Абыл өз сүриўиндеги қозыларды Қудайға қурбанлыққа бериў ушын əкелгеннен баслап, Қудай Абылға ҳəм оның сыйына нəзер салды (Жаратылыс 4:4). Қудайға исенетуғын адамлар Оған арнап қурбанлық шалатуғын еди. Муўсаның Нызамынан көп бурын-ақ адамлар қурбанлық шалынатуғын орынлар қурып, малларды шалатуғын ҳəм қан шығаратуғын еди. Дəслеп бул ис əдет бойынша исленди, бирақ Муўсаның Нызамы бойынша Синай таўында Қудай менен адам арасында келисим дүзилгенде, ол Қудайдың буйрығы менен тəртип сыпатында енгизилди.
Бизиң эрамызға дейин VIII–VII əсирлердиң уллы пайғамбарлары формализмге ҳəм Қудайға сыйынатуғынлардың əдепсиз қылықларына қарсы болады. Деген менен, қурбанлық бериў рəсми бизиң эрамыздың 70-жылында Ибадатхана қыйратылғанға дейин даўам етти. Ҳəр бир еврей ушын қурбанлықты жандырып жибериў, Мухаддесханаға кириў ушын сый əкелиў, қурбанлыққа қосылып берилетуғын ишимликлер, белгиленген қайсы күнлер, ҳəптелер, айлар ҳəм жылларда қурбанлықлар бериў кереклиги жақсы таныс еди. Жəне де, ҳəр бир еврей «денениң жаны қанда», «қан төгилмей турып, кеширим берилмейди» деген нəрселерди ядтан билетуғын еди (Леб 17:11; Евр 9:22).
Ески Келисимдеги қурбанлықлар Масихтың қурбанлығының тымсалы болды. Пайғамбарлар ҳəм жыршылар оны пайғамбаршылық арқалы билдирген еди. Айырым жырларда Ийсаның жаза алып, айыпсыз қурбанлық бергени сүўретленеди. Зекерия пайғамбар Ийсаны өз китабында қойлары алыс жерлерге тарқап кеткен мийримли шопан сыпатында, ал Даниел пайғамбар Оны «май-ланған», «кесип тасланған» деп сүўретлейди. Ал, Ийшая өз пайғамбаршылығының соңында азап шеккен, басқалардың жынаятлары ушын жарақатланған, қозы сыяқлы шалыныўға алып барылған, ҳəмме тəрепинен жек көрилген ҳəм ҳəммениң гүнасын Өзине алған Адам деп көрсетеди. «Масих азап шегиўи керек еди», — деген сөзлер — ҳақыйқат. (Зекерия 13:7; Марк 14:27; Даниел 9:25, 26; Ийшая 53; Лука 24:26 салыстырып көриң).
Ийса бул дүньяға келгенде, Өзин не күтип турғанын билетуғын еди. Ол Мухаддес Жазыўлардың Өзи туўралы гүўалық беретуғынын ҳəм олар Өзи арқалы орынланатуғынын түсинетуғын еди. Булар Оның азап шегетуғын ўақты жақынлағанда анық көринеди. Филип Кесариясында болғанда, Симон Петр Оны Масих деп тəн алғанда, Ийсаның хызметинде əҳмийетли басқыш басланды. Ол: «Адам Улы көп азап шегиўи тийис», — деп үйрете баслады (Марк 8:31).
Усы «тийис» деген сөз, Оның усы шəртли ўазыйпа Мухаддес Жазыўлар Оған Қудай Әкениң еркин ашыўы арқалы жүкленген еди. Бул Ийсаның тəлийматында да тез-тез айтылады. Ийса суўға шомылдырылыўы тийис еди. Ол ҳəммеси орынланбағанша, шəртли ўазыйпасын сезип билди. Ийса Өзиниң «белгиленген ўақтында» туўры жүрип барды. Хош Хабарларда бул белгиленген ўақыттың еле кемегени жийи-жийи айтып өтиледи. Усы белгиленген ўақыттың келгенин, атанақ ағаштағы өлим де анық екенин көрип, Ийса қолға алыныўы жақынлағанда: «Әке! Ўақыт келди!» — деди (Юхан 17:11).
Ийса не болатуғынын алдын ала сезип: «Енди жүрегим қайғыға толды. Мен не дейин? «Әке, Мени ўақыттан қутқар», — дейин бе? — деген еди (Юхан 12:27-28). Ийсаны қолға алатуғын ўақыт келгенде, Симон оны қорғаў ушын қылышын суўырып алды, сонда Ийса оған кейип: «Қылышыңды қынабыңа салып қой! Әкемниң Маған берген азап кесесинен ишпейин бе?» — деген еди (Юхан 18:11). Матта жазған Хош Хабарда Ийса: «Сен егер ҳəзир Әкемнен сорасам, Ол маған он еки легионнан артық периште жибермейди, деп ойлайсаң ба? Бирақ, егер ондай болса, Мухаддес Жазыўлардағы солай болыўы тийис деген сөзлер қалайынша орынланар еди?» — деди (Матта 26:53, 54).
Ески Келисимде пайғамбаршылық етип айтылған, Ийса тəлим берип үйреткен атанақ ағаштағы өлимниң уллы əҳмийети Жаңа Келисим авторлары тəрепинен де толық тəн алынады. Хош Хабарларды жазған төрт автор да Масихтың пүткил өмири ҳəм хызметине қарағанда, Оның соңғы ҳəптеси ҳəм өлими ҳаққында көбирек гүрриң етеди. Биринши Хош Хабардың бестен еки бөлеги, екинши Хош Хабардың бестен үш бөлеги, үшинши Хош Хабардың үшинши бөлими ҳəм төртинши Хош Хабардың дерлик ярымы Ийса Ерусалимге салтанатлы түрде кириўи ҳəм Оның даңқлы түрде аспанға көтерилип кеткени ҳаққында сүўретлейди. Әсиресе, булар Юхан жазған Хош Хабарда таң қаларлық қылып баянланған. Бул китапты «Нышанлар китабы» ҳəм «Ийемиздиң азап шегиўи ҳаққында китап» деп тең екиге бөлиўге болар еди.
Хош Хабарларда тек нəзерде тутылып айтылып кеткен нəрселер хатларда ашық түрде сөз етиледи. Әсиресе, бул Павелдиң хатларында жақсы байқалады. Бул елши оқырманларға атанақ ағаш туўралы еслетиўге ҳеш қашан еринбеген. Оның өзинде өзи ушын өлген Қутқарыўшыға деген миннетдаршылық сезими бар еди. Ол: «Мени сүйген ҳəм мен ушын Өзин қурбан еткен Қудайдың Улына...», — деп, сонлықтан мен Ийемиз Ийса Масихтың атанақ ағашынан басқа бир нəрсе менен ҳеш қашан мақтанбайман», — деген еди (Галатлыларға 2:20; 6:14).
Грек философиясының майда-шүйделери бойынша алжасып қалыў қəўипи болған коринфлилилерге елши Павел былай деп жазған еди: «Яҳудийлер кəраматлы белгилер көрсетиўимизди талап етеди, греклер ўазымыздан даналық излейди. Бирақ, бизлер атанақ ағашқа шегеленген Масих ҳаққында жəриялап атырмыз. Яҳудийлер ушын бул тосқынлық болады, ал басқа миллетлер ушын ақылсызлық болып көринеди. Қудай тəрепинен таңланғанлар ушын болса, ол я яҳудий болсын, я грек болсын, атанақ ағашқа шегеленген усы Масих — Қудайдың қүдирети ҳəм Оның даналығы» (Коринфлилерге 1-х 1:22-24). Павел Коринфтен Афинаға биринши мəртебе өзиниң екинши сапарының ўақтында келгенде, былай деген еди: «Себеби араңызда болған ўақтымда, тек Ийса Масихқа ҳəм оның атанақ ағашқа шегелениўине ғана дыққат аўдарыўға қарар еттим» (Коринфлилерге 1-х 2:2). Жəне де, ол: «Өзим алған ең əҳмийетли нəрсени мен сизлерге жеткизген едим. Яғный, Мухаддес жазыўлар бойынша Масих бизлердиң гүналарымыз ушын өлди» (Коринфлилерге 1-х 15:3).
Жаңа Келисимниң басқа китапларында да атанақ ағаштағы өлимге усындай дыққат аўдарылады. Кейин ала бизлер Петрдиң бул ҳаққында не жазғанын ҳəм ойлағанын қарап шығамыз. Еврейлерге жазылған хатта: «Масих Өзин қурбан етип, гүнаны жоқ қылыў ушын, заманның ақырында тек бир мəртебе жерге келди», — деп туўры айтылған (Еврейлерге 9:26). Бизлер сырлы ҳəм əжайып китап болған «Аян» китабын оқығанымызда, бир сəтке болса да, бизлер ушын аспанда даңққа бөленген Ийсаның көриниси ашылады, Оны тек Яҳуда урыўынан шыққан арыслан сыпатында емес, ал баўызланған Қозы сыпатында да көремиз (Аян 5:5-6). Сонда мың-мыңлаған мухаддеслердиң ҳəм периштелердиң оны алғыслап: «Баўызланған Қозы күш, байлық, даналық, қүдирет, ҳүрмет, даңқ ҳəм алғыс-мақтаўды алыўға ылайықлы», — дегенин еситемиз.
Солай етип, «Жаратылыс» китабының биринши бабынан «Аян» китабының соңғы бабына дейин, бизлер өз ара байланысты көремиз. Бул ҳақыйқаттан да, Ариадианың жиби сыяқлы болып, оның жəрдеминде Мухаддес Жазыўлардың уңқыл-шуңқылларынан өтемиз. Мухаддес Китап үйреткен атанақ ағаштағы өлимниң əҳмийетин масихый жəмəəтлер де тəн алады. Көп жəмəəтлер адамларды атанақ ағаш белгиси менен шоқындырып, өлген адамның қəбириниң басына атанақ ағаш қояды. Жəмəəтлердиң имаратлары да атанақ ағаш тəризиндеги тийкар үстине қурылады, имараттың баслы ҳəм қаптал тəреплери атанақ ағаш көринисинде. Көплеген масихый адамлар мойынларына шынжырға қоса атанақ ағаш илдирип жүреди. Булардың ҳəммесиниң де себеби бар. Атанақ ағаш — бул бизиң исенимимиздиң тымсалы. Масихыйлардың дини — атанақ ағашқа шегеленген Масихқа исениўден ибарат. Император Константин аспанда көрген затты бизлер Мухаддес Китап бетлеринде көре аламыз. «Атанақ ағашсыз жеңис жоқ». Атанақ ағашсыз масихыйлық жоқ. Не ушын? Атанақ ағаш нени аңлатады?
Атанақ ағаштың əҳмийети
Мен Масихтың атанақ ағашына байланыслы көп нəрселер еле сыр болып киятырғанын айтпай турып, оның əҳмийети ҳаққында сөз баслай алмайман. Масихыйлар атанақ ағаштың тарийхта жүдə əҳмийетли орын ийелегенине исенеди. Бизлердиң мүмкиншилиги шекленген ақыл-санамыздың буны толық түсине алмайтуғыны таң қаларлық нəрсе емес. Бир күни перде биротала жоқ болып, барлық сырлар ашылады. Сонда бизлер Масихтың қандай екенин көремиз ҳəм оны ислеген ислери ушын мəңгиге алғыслаймыз. «Ҳəзир бизлер ҳəммесин гүңгирт айнада көргендей гүмилжи көрип турмыз. Бирақ, ақырғы ўақыт келгенде, жүзбе-жүз көремиз. Ҳəзир мен толық билимге ийе емеспен, бирақ ақырғы ўақыт келгенде, Қудай мени толық билгендей, мен де Оны толық билетуғын боламан (Коринф 1-х 13:12). Жүдə ақыллы болған уллы елши Павел усылай деген болса, бизлер ҳаққында не айтыўға болады?
Симон Петр өзиниң биринши хатында Ийсаның өлими ҳаққында нелерди жазғанын келтирип өтиў менен шекленемен. Мен арнаўлы түрде Петрдиң хатларын мысал ретинде келтирип өтпекшимен. Буның үш себеби бар.
Биринши себеби — Петр он еки елшиниң ишинен Ийса менен жақын дослық қатнаста болған үш елшиниң бири болған еди. Сол себептен Петр де басқалар сыяқлы Ийсаның Өз өлими ҳаққында не ойлап, не айтқанын түсинетуғын еди. Петр өзиниң биринши хатында Ийемиздиң тəлийматы ҳаққында бир неше анық нəрселерди келтирип өтеди.
Екиншиден, мен Петрдиң хатларына исеним менен қарайман. Себеби ол ең баста Масихтың азап шегиўи кереклигин онша қəлемеген еди. Петр биринши болып Масихтың айрықша екенлигин мойынлаған еди. Деген менен, Ийсаның өлиў кереклигине де биринши болып қарсы шыққан ол еди. Петр Ийсаға: «Сен — Масихсаң», — деп, Оны мойынлаған еди, бирақ Ийса Өзиниң азап шегиўи кереклиги ҳаққында тəлим бере баслағанда: «Яқ, Ийем» — деген еди. Ийса хызмет еткен келеси күнлердиң бəринде де Петр Масихтың бул идеясына қарсы болды. Ол Ийсаны бағда қорғамақшы болды, ол Ийсаны қолға алғанда, ол Ийсаның изине алыста жүрип ерип барды. Қапа болып отырып, Петр ҳəўлиде Ийсадан үш мəртебе танды. Ал, оның төккен көз жаслары тек өкиниш көз жаслары емес, үмитсизлик көз жаслары да болды. Тек Ийса өлимнен қайта тирилип, елшилерге Мухаддес Жазыўлардағы: «Масих усы азапларды шегип, Өз салтанатына кириўи керек емес пе еди?» (Лука 24:26) — дегеннен соң, Симон Петр ақыры түсинип ҳəм исене баслады.
Ал, бир неше ҳəптеден соң, ол ҳақыйқатқа сүйенгени соншелли, ҳəтте, ибадатханада турған адамларға: «Бирақ, барлық пайғамбарлар арқалы Өз Масихының азап шегетуғынын алдын-ала билдирген Қудай Өз сөзин усылай əмелге асырды», — деген еди. Петрдиң биринши хаты Масихтың азап шегиўи ҳəм даңққа ерисиўи ҳаққында айтып өтеди.
Бизлер баста атанақ ағаштың зəрүр екенлигин ойламаўымыз ҳəм бирден оның əҳмийетли екенин түсинбеўимиз мүмкин. Бизлерди буған Симон Петр исендире алады ҳəм бул ҳаққында бизлерге тəлим бере алады.
Үшиншиден, Петр өзиниң биринши хатында атанақ ағаш ҳаққында тек айтып өтеди. Егер ол дəлийллерин жортаға келтирип, Масих өлиўи керек еди деп тастыйықлағанда, бизлер бул жерде бир нəрсе жетиспейди, деп ойлаған болар едик. Петр өз оқырманларын масихый өмир сүрип, азапларға шыдам бериўге шақырады ҳəм оларға жигер бериў ушын атанақ ағаш ҳаққында тек айтып өтеди. Егер ол дəлийллерин жортаға келтирип, Масих өлиўи керек еди деп тастыйықлағанда, бизлер бул жерде бир нəрсе жетиспейди, деп ойлаған болар едик. Петр өз оқырманларын масихый өмир сүрип, азапларға шыдам бериўге шақырады ҳəм оларға жигер бериў ушын атанақ ағаш ҳаққында еслетип өтеди.
Енди қуўдалаў ҳаққында сөз болады. Ҳəммеге мəлим, император Нерон масихыйлардың душпаны болды. Көп масихыйлар қатты қорқып қалған еди. Хорлаўлар болғанлықтан, қорқынышлы ўақытлар киятыр, деп ойлаў мүмкин еди.
Петр өз хатында əпиўайы-ақ кеңес береди (Петр 1-х 2:18-35). Егер исенбейтуғын хожайын масихый хызметшисине жаман қатнаста болса, бул надурыс жаза екенин хызметшилер билиўи керек. Жаман ис ушын таяқ жеў аброй əкелмейди. Жақсысы, қуллар ҳақлық ушын азап шегип, Масихтың аты ушын айыпланғанда қуўаныўы керек. Олар қарсылық көрсетпеўи ҳəм өш алмаўы тийис. Олар бойсыныўы зəрүр. Наҳақ азап шеккенде сабырлылық қылғанды Қудай қоллап-қуўатлайды. Сонда Петр дəрҳал атанақ ағаш ҳаққында айтады. Наҳақ азап шегиў-масихыйлардың тəғдирине жазылған деп тастыйықлап, Петр: «Масихтың өзи сизлер ушын азап шегип, Оның изинен жүриўиңиз ушын өрнек көрсетти», — дейди. Ийса гүнасыз болды ҳəм айып ислемеди. Бирақ сонда да, өзин адамлар масқаралағанда, Ийса олардан өш алмады. Азап шеккенде, оларды қорқытпады. Мухаддес Жазыўда айтылғандай, Ол Өзин ямаса Өзине азап бергенлерди пүткил адамзатты əдил ҳүким етиўши Қудайдың қолына тапсырды.
Масих бизлерге үлги көрсетип кетти. Жаңа Келисимде жалғыз рет Петр қолланған бул грек сөзи муғаллимниң дəптеринде минсиз қылып жазылған ҳəриплерге қарап, оқыўшы жазыўды үйренгениндей мəнисти аңлатады. Солай етип, бизлер масихый сүйиспеншиликтиң əлипбесин үйренип атырған екенбиз, демек өмиримизде Ийсадан үлги алып жасаўымыз тийис. Бизлер Оның изинен жүриўимиз керек. Петрдың өзи Ийсаның изине ерип, қамаққа да, өлимге де баратуғынын айтып, мақтанған еди. Галила теңизиниң жағасында Ийса Петрди жəне шақырып, оған: «Мениң изиме ер!» — деген еди. Петр оқырманларын өзи менен бири Ийемиздиң изине бойсынып ериўге шақырады.
Жигирмаланшы əсирде атанақ ағаш та бизлерге шақырық таслап, бизлерди қысындырады. Қарсылық көрсетпеў, наҳақ азапларға шыдаў, жаманлықты жақсылық пенен жеңиў бизлердиң тəбийий сезимлеримизге қайшы келиўи мүмкин. Деген менен, атанақ ағаш бизлерди таяқ жеўге таяр болыўға, душпанларымызды сүйиўге ҳəм ҳəммесин Қудайға тапсырыўға шақырады.
Бирақ, Ийсаның өлими тек руўхландырыўшы үлги емес, ал еле де уллырақ нəрсе. Егер ондай болмағанда, Хош Хабарда гүрриң етилген көп нəрселерди түсиндириў қыйын болар еди. Мысалы: Оның Өз өмирин көплердиң қутқарылыўы ушын беретуғынын ҳəм қан төгетуғынын айтқанда, ерси еситилген еди. «Келисим қаны гүналардың кеширилиўи ушын», — деген еди Ийса (Марк 10:45; Матта 26:28). Әпиўайы үлги арқалы қутқарылыў жоқ, үлги кеширим алып келмейди.
Жəне де, не ушын Ийса атанақ ағашта шегетуғын азабын алдын-ала сезип, қатты қыйналыўы керек еди? Оның бағда қатты азап шеккенин, көз жасларын төккенин ҳəм Оның тери қан болып тамғанын қалай түсиндириўге болады? Ийса: «Әкем Мениң! Егер де мүмкин болса, бул азап кесеси Меннен өтсин. Бирақ Мениң емес, Сениң қəлеўиң болсын», — деген еди. (Матта 26:39). Жəне де, Ол: «Әкежаным! Егер бул азап кесеси Мен ишпей Меннен өте алмаса, онда Сениң еркиң орынлансын», — деди. (Матта 26:42). Ийса қорққан усы азап кесеси атанақ ағаштағы өлимниң тымсалы болды ма? Сол ўақытта Ийса азап шегиўден, өлимнен қорқтты ма? Егер усылай болса, онда Ийсаның үлгиси бизлерди сабырлылық ҳəм бойсыныўшылыққа үйретеди. Бирақ, оны батырлық үлгиси деп атап болмайды. Платонның айтыўы бойынша, Сократ өзиниң азап кесесин Афина қамақханасының камерасында таяр турып, кеўиллилик пенен қабыл етти. Сонда не Сократ Ийсаға қарағанда ержүрек болғаны ма? Я болмаса, олардың кеселери ҳəр қыйлы зəҳəрлерге толы болды ма? Қараңғылық, жалғыз қалған Ийсаның шыңғырығы, Ең мухаддес бөлмениң кирер аўзындағы пердениң жоқарыдан төменге дейин қақ айырылып, екиге бөлиниўи нени аңлатады? Егер Ийса тек үлги көрсетиў ушын өлген болса, онда булардың барлығын түсиндириў мүмкиншилиги болмас еди. Ҳақыйқаттан да, көп нəрселер бул үлгини үлги қылып көрсетпейтуғындай болып көринеди. Егер Масихтың өлими тек үлги болып қалғанда, Хош Хабарлардан басқа нəрселер де сырлы болып қалар еди. Бизиң адам сыпатындағы мүтəжлигимиз қанаатландырылмай қалған болар еди. Бизлерге үлгиден де уллырақ нəрсе, бизлерге Қутқарыўшы керек. Үлги қыялларымызды тынышсызландырады, бизлерди идеализмге руўхландырып, турақлылықты беккемлейди. Бирақ, ол бизлерди ислеген гүналарымыздан тазалай алмайды, тынышсызланған ҳүжданымызды тынышландырып, Қудай менен жарастыра алмайды.
Бул бойынша елшилер де екиленбестен, бəрқулла Масихтың келиўи менен оның өлими бизлердиң гүналарымыз бенен байланыстырады.
«Мухаддес Жазыўлар бойынша, Масих бизлердиң гүналарымыз ушын өлди».
«Масих гүналарымыз ушын бир мəртебе қурбан болды».
«Ал, Масихтың гүналарымызды алып таслаў ушын келгенин билесизлер».
Жаңа Келисимниң елшилери болған усы үш уллы автор — Павел, Петр ҳəм Юхан бир аўыздан Масихтың өлимин бизлердиң гүналарымыз бенен байланыстырады.
Масихтың өлими менен бизлердиң гүналарымыз арасындағы байланысты сүўретлей отырып, Петр өзиниң екинши хатында (2:24) былай деп жазған еди: «Ол гүналарымызды атанақ ағашта Өз денесине жүкледи». «Гүнаны алыў» деген сөз бизлер ушын ерси түйилиўи мүмкин. Сонлықтан, оны түсиниў ушын, бизлер Ески Келисимге қайтыўымыз тийис. Бул сөз «Лебийлилер» ҳəм «Санлар» китапларында жийи-жийи тəкирарланады. Бул китапларда көп мəртебе айтылыўы бойынша, ким де ким Қудайдың Нызамларының бирин бузса, нызамсызлық ислеген болып, гүнакар саналады.
Мысалы: «Ким де ким гүна ислеп, Жаратқан Ийениң буйрықларына қарсы ис қылса, айыпкер болып, гүнакар саналады» (Леб. 5:17). Бул сөзлер тек бир нəрсени аңлатады: гүнакар саналыў — бул гүнаның нəтийжеси себепли азап шегип, гүна ушын жазаланыў дегенди билдиреди.
Бирақ, айырым ўақытлары гүнакар адам ушын басқа адам жуўапкерши-ликти алыўы мүмкин. «Санлар» китабының 30 — бабында ант бериў ҳаққында сөз етиледи. Муўсаның түсиндириўи бойынша, ер адам ямаса жесир ҳаялдың берген ўəдеси қабыл етиледи. Деген менен, турмысқа шықпаған қыз ямаса күйеўге шыққан ҳаял тəрепинен берилген ант олардың əкеси ямаса күйеўи тəрепинен тастыйықланыўы тийис. Егер ер адам ҳаялдың берген ўəдесин еситсе де үндемей қалса, ал кейин ала бул ўəде ақылсыз ҳəм тийкарсыз болып шықса, онда: «Ер адам ҳаялдың гүнасын өзине алады», — деп жазылған. «Еремияның жоқлаўы» китабының соңғы бөлегинде бизлер жəне бир мысал табыўымызға болады. Китапта Ерусалим қыйратылғаннан соң, Израиллылар: «Ата-бабаларымыз гүна иследи, бирақ енди олар жоқ, ал бизлер олардың нызамсыз иси ушын жазаланып атырмыз», — деп жылайды. (5:7).
Бизлердиң гүналарымыз ушын басқа биреў жуўапкершилик алып, жазаланыўы мүмкин екенлиги Ески Келисимде Муўсаның Нызамы талап еткени бойынша қан шығарылып, қурбанлық берилиўи бүгин бизлер ушын ерси түйиледи. Халықтан гүналарды алып таслап, оны Жаратқан Ийениң алдында тазалаў ушын, гүна қурбанлығын бериў кереклигин Қудай буйырған еди (Леб 10:17). Сол сыяқлы, ҳəр жылы Тазаланыў күнинде Харон текениң басына қолын қойып, халықтың гүналарын айтып, тəўбе етиўи (бул арқалы өзин ҳəм халқын байланыстырыўы), тымсалый түрде гүналарды сол текеге жүклеп, кейин оны шөлге жибериўи тийис еди. «Теке олардың барлық нызамсыз ислерин алып, адамсыз жерге апарады», — делинген. Булар арқалы биреўдиң гүнасын «алыў» — гүнакар адамның орнында турып, оның гүнасы ушын жазаланыў дегенди аңлататуғыны мəлим болады.
Бирақ, бул кəраматлы түрде ўақытша қутқарылыўға қарамастан, «Еврейлерге жазылған хаттың авторының айтыўы бойынша: «Өгизлер менен текелердиң қаны гүналарды жоқ қыла алмайды» (Евр. 10:4). Ийшаяның китабындағы хызметшиниң ең узын қосығында айыпсыз азап шегиўшиниң (Масих) қурбанлығы айрықша сүўретленген. Ол «қой сыяқлы баўызланыўға алып барылды», «үндемей турды», «Жаратқан Ийе бизлердиң ҳəммемиздиң гүналарымызды Оған жүкледи». Оның жаны «гүна ушын қурбан етилди» (Ийшая 53-б). Бизлердиң ҳəммемиз «қойлар сыяқлы адасып жүрдик», Ол да қой сыяқлы «бизлердиң гүналарымыз ушын жараланып, нызамсыз ислеримиз ушын азап шекти; Бул дүнья ушын Ол жазаланды, Оның жарақатлары арқалы бизлер шыпа таптық». Солай етип, «Мениң халқымның жынаяты ушын, Ол өлим жазасын алды», — деп айтылғаны бойынша, биреў ушын екинши адам жазаланғаны анық көринеди. Буған қосымша Лебийлилер китабындағы мына аятларды да келтирип өтиўге болады: «Олардың гүналарын Өзине алады», «Ол көп адамлардың гүналарын Өзине алды».
Көп əсирлерден соң, ақыры бир күни Ийса келгенде, Шомылдырыўшы Яқыя ҳəммениң алдында былай деген еди: «Мине, Бул — дүньяның гүнасын Өзине алатуғын Қудайдың Қозысы!». Солай етип, Жаңа Келисимниң китаплары жазылған ўақытта олардың авторлары Ийсаның өлимин екиленбестен соңғы қурбанлық деп мойынлады. Бул арқалы Ески Келисимдеги барлық қурбанлықлар əмелге асты. Усы ҳақыйқатлық «Еврейлерге жазылған хат» тың əҳмийетли бөлеги болып табылады. Ески қурбанлықлар өгиз ҳəм текелерден ибарат еди. Масих Өзин қурбан етти. Ески қурбанлықлар қайта — қайта берилетуғын еди. Ал, Масих ҳəмме ушын бир мəртебе өлди. Ол көплердиң гүнасын Өзине алыў ушын бир мəртебе қурбан болды. Соңғы сөзлер бизлерге Петрдиң мына сөзлерин еске түсиреди: «Ол гүналарымызды атанақ ағашта Өз денесине жүкледи». Қудайдың Улы Өзин адамлардың гүналары менен теңлестирди. Ол Өзине тек бизлердиң тəбиятымызды алып қоймай, нызамсыз ислеримизди де алды. Ол Мəриямның қурсағында адам болып қоймай, Галгота атанақ ағашында гүнаға да айланды.
Бул соңғы сөзлер Павелге тийисли. Олар Мухаддес Китапта қутқарылыў ҳаққында айтылған ең əжайып тəлиймат болып табылады. Келеси аятларда Павел Қудайдың бизлерди айыплаўдан ўаз кешип, гүналарымызды есапқа алмағанын тастыйықлайды (2 Кор 5-6). Яғный, Қудай бизлер ылайықлы болмаған сүйиспеншиликти көрсетип, бизлердиң гүналарымыз ушын жуўап бериўимизди қəлемеди. Қудай Ески Келисим ўақтында айтылған мына сөзлерди бизлер туўралы айтыўға рухсат етпеди: «Олар өз нызамсыз ислери ушын жуўап береди». Қудай не иследи? «Қудай бизлердиң гүналарымызды ҳеш қашан гүна ислемеген Масихқа жүкледи. Масих пенен байланысқа ийе болған бизлер Қудай алдында усы арқалы ақландық». Ийса Масих гүнасыз болды. Ол бизлердиң гүналарымыз себепли атанақ ағашта гүнакар болды.
Бизлер атанақ ағашқа қарасақ, оның қəншелли қорқынышлы екенин көремиз. Түсте пүткил жерди қараңғылық қаплап, Ийса жан тапсырғанша, саат үшке дейин сондай болып турды. Қараңғылық пенен қоса тынышлық та келди. Себеби бийгүна Қозының қəншелли азап шеккенин ҳеш бир көз көрмеўи ҳəм ҳеш бир аўыз бул туўралы айтып бермеўи керек еди. Адамзат тарийхында исленген гүналардың ҳəммеси оған жүкленген еди. Ол сол гүналарды Өз қəлеўи бойынша денесине жүклеген еди. Ол сол гүналарды Өзиники қылып, олар ушын толық жуўапкершиликти алған еди.
Ийса жалғыз қалып, Руўхы Қудайдан алыс болғанда: «Қудайым! Неге Мени таслап кеттиң?» — деген сөзлер Оның аўзынан ерксиз шығып кеткен еди. Бул «Забур» китабындағы 21-жырдың биринши қатары еди. Ийса азап шегип атырып, жырда Масихтың азап шегип, даңққа ерискени қалай сүўретленгени туўралы пикир жүргизгени сөзсиз. Бирақ, не ушын Ийса бул қатарды келтирип өткен еди? Не ушын бул емес, ал жеңис ҳаққында соңғы аятларды келтирип өтпеди? Не ушын: «Жаратқан Ийеден қорқыўшылар! Оны алғыслаңлар!» — деген қатарларды келтирмеди? Я болмаса, «Патшалық Жаратқан Ийеники», — деген қатарды айтпады. Бул адамның ҳəлсизлиги ҳəм үмитсизлиги ямаса Қудайдың Улының Өз қыялына ерк бериўи деп түсиниў керек пе? Жоқ. Бул сөзлерди толық мəниси бойынша қарап шығыў тийис. Ийсаның Мухаддес Жазыўдағы бул аятты келтирип өтиўиниң себеби — Ол усы сөзлерди Өзиниң əмелге асырып атырғанына исенетуғын еди. Ийса басқа аятларды келтиргенде де усындай исенимге ийе еди. Ол бизлердиң гүналарымызды Өзине алды. Сонда «жаўызлықларға ҳəм жəбир бериўлерге қарай алмайтуғын» Қудай пəк нəзерин Оннан терис бурды. Бизлердиң гүналарымыз Әке менен Ул ортасында турды. Әкеси менен мəңгиге бирге болған Ийемиз Ийса Масих ҳеш қашан Оның менен болған қарым-қатнасын дүньядағы өмиринде де үзбеген еди. Бирақ, минекей, Масих бирден жалғыз қалып, дозаққа барды. Ол Қудайдан айырылған адамның жаны қалай қыйналатуғынын басынан кеширди. Масих бизлердиң гүналарымызды Өзине алып, бизлердиң орнымызға өлди. Бизлер гүналарымыз ушын Қудайдан айырылыў жазасын алыўымыз керек еди. Бирақ, Ийса бизлердиң орнымызға усы жазаны бастан кеширди.
Ал, соңынан қараңғылықтан шығып, Ийса жеңисли түрде: «Орынланды!» — деп, «Әке! Руўхымды Сениң қолыңа тапсыраман», — деп айтып болып, жан тапсырды. Ийсаның орынлаў ушын келген иси тамамланған еди. Ол жеңип алыўы керек болған қутқарылыў қолға киргизилген, дүньяның гүналары жуўылған еди. Усы Қутқарыўшыға исенип, Оны Қутқарыўшым деп қабыл еткен ҳəр бир адам Қудай менен жараса алатуғын болды. Бул ҳақыйқатлықты ҳəммеге көрсетиў ушын, Қудайдың көзге көринбейтуғын қолы Ибадатханадағы пердени дəрҳал қақ айырып таслаған еди. Сол перде енди керек емес болып қалған еди. Енди Қудайға апаратуғын жолда тосқынлық жоқ еди. Масих барлық исениўшилерге аспанға баратуғын жолды ашып берди. Бийкарға өлмегенин дəлийллеў ушын, отыз алты сааттан соң, Ийса өлимнен қайта тирилди.
Қудайдың Улының бизлердиң гүналарымызды Өзине алғаны ҳаққында бул əпиўайы ҳəм əжайып гүрриң ҳəзир таң қаларлық дəрежеде белгили емес. Оның адамлардың гүналары ушын жазаланыўы тийис болғанын əдеп — икрамсызлық, əдалатсызлық ҳəм бийпайда нəрсе деп атайды. Әлбетте, буларды аңсат ғана күлкиге айландырыўға да болады. Бул бизлердиң басқа қылатуғын талабымыз жоқ дегенди аңлатпайды. Петр айтқандай, əлбетте, бизлер гүна ушын өлип, ҳақлық ушын жасаўға тырысып, «жанларымыздың Шопаны ҳəм Бағыўшысына» қайтыўымыз тийис. Жəне де, булардың ҳəммеси Қудайдың таң қаларлық мийрим-шəпəəти себепли болғанын умытпаўымыз лазым. Ийсаға, қутқарғысы келмейтуғын Қудайдың қолынан қутқарылыўды тартып алған үшинши адамға қарағандай қарамаў керек. Қутқарыў басламасы Қудайдың Өзине тийисли еди. «Қудай Масих арқалы дүньяны өзи менен жарастырды». Мен Қудайдың қалай Масихта болғанын анық түсиндире алмайман. Оны қалай бизлер ушын гүнакар қылғанын да айта алмайман. Бирақ, сол елши усы еки ҳақыйқатлықты бир аятта түсиндиреди. Бизлер Насыралы Ийсаның ҳəм Қудай, ҳəм адам болғанын таң қаларлық нəрсе болса да, қабыл етиўимиз тийис. Ийсаның Өзи таң қаларлық болса, Оның ислери де таң қаларлық екенин ҳайран қалдырмаў керек. Егер бизлер бул таң қаларлық нəрсени түсинип, сырын биле алмасақ та, Масихтың ҳəм оның елшилериниң дəлийллерине исениўимиз тийис. Оның бизлердиң гүналарымызды Өзине алып, бизлер гүналарымыз ушын алатуғын жазаны алғанын түсиниўимиз лазым.
Петрдиң анық усыларды нəзерде тутқаны үш нəрсе арқалы анық болады. Бириншиден, Петрдиң айтыўы бойынша, Масих бизлердиң гүналарымызды атанақ ағашқа жүкледи. Петр «Елшилердиң ислери» китабында жазылған биринши ўазларында усы сөзлерди биле тура қолланғаны сөзсиз. Мысалы: «Ата-бабаларымыздың Қудайы сизлер атанақ ағашқа шегелеп өлтирген Ийсаны қайта тирилтти», — деген еди Петр (Елшилердиң ислери 5:30). Петрдиң тыңлаўшылары болған еврейлер оның «Мухаддес Китапты қайталаў» китабындағы 21-бапты нəзерде тутып атырғанын аңсат түсинетуғын еди. Ол жерде: «Ағашқа асылған ҳəр бир адам нəлетий», — деп жазылған. Ийсаның өмириниң ағашта жуўмақланғаны (еврейлер атанақ ағашқа шегелениўди ағашқа асылыў менен бирдей көрди) Онда Қудайдың ғарғысы бар дегенди аңлататуғын еди.
Бул пикирден ўаз кешиўдиң орнына, елшилер оны қабыл етти. Ал, Павел оны өзиниң галатиялыларға жазған хатының үшинши бабында түсиндирди. Жəне де, Павел «Мухаддес Китапты қайталаў» китабында жазылғаны бойынша: «Мухаддес Нызам китабында жазылған ҳəмме нəрсени бəрқулла орынлап жасамайтуғын ҳəр бир адам нəлетий болады», — деген аятқа да дыққат аўдарады. Бирақ, Павел даўам етип: «Масих бизлерди Мухаддес Нызамның нəлетинен қутқарды», себеби: «Ағашқа асылған ҳəр бир адам нəлетий», — екенин айтады.
Бул аятлардың контексттеги əҳмийети анық ҳəм булжымас. Яғный, нызамды бузған жынаятшы алыўға ылайықлы болған ғарғыс атанақ ағаштағы Ийсаға жүкленди. Ийса өлген ўақытта усы ғарғысты Өзине алып, бизлерди оннан азат етти.
Ол ҳеш қандай гүна ислемеди, аўзынан ҳеш қандай жалған сөз де шықпады |
Ол гүна ислемеди ҳəм аўзынан жалған сөз де шықпады |
Оған ҳəмме жаман сөз айтты |
Ол ҳəммеге жек көрилди ҳəм адамлар алдында пəслетилди |
Ол гүналарымызды Өзи мойнына алды |
Ол Өзине көплердиң гүнасын алды |
Оның жаралары менен сизлер шыпа таптыңыз |
Оның жаралары менен сизлер шыпа таптыңыз |
Сизлер жойтылған қой сыяқлы едиңлер |
Бизлер ҳəммемиз жойтылған қой сыяқлы едик |
Екиншиден, «Петрдиң биринши хаты»ндағы бул сөзлер Ийшаяның китабындағы 53-бап пенен анық бес түрли байланысқа ийе.
Бурын көрип өткенимиздей, сол 53-бапта басқалардың жынаятлары ушын қурбан болған айыпсыз азап шегиўши ҳаққында сөз етилген. Әлбетте, Ийсаның Өзи де, Оның шəкиртлери сыяқлы, Өз хызметин ҳəм өлимин усы бапқа байланыслы түсине алған еди. Мысалы: Эфиоп ақта Хош Хабар жəриялаўшы Филиптен өзи оқып отырған пайғамбардың китабында ким ҳаққында айтылып атырғанын сорағанда, Филип дəрҳал оған Ийса ҳаққында Хош Хабар айтқан еди.
Үшиншиден, Петрдиң хатында атанақ ағаш ҳаққында айтылған басқа да сөзлерди ушыратыўға болады. Бул арқалы биз оның 2-бапта айтқан сөзлерин дурыс түсингенимиз дəлийлленеди. Петр өз оқырманларын Қудайдың минсиз ҳəм кемшиликсиз Қозысы болған Масихтың бийбаҳа қаны менен сатып алынып қутқарылған, ҳəтте, үстилерине Оның қаны себилген адамлар сыпатында сүўретлейди (1 Петр 1:2, 18, 19).
Бул еки түсиник те ең дəслеп Израил халқының Мысырдан шыққан ўақтында Қутқарылыў байрамы қурбанлығын бергени менен байланысқа ийе. Сонда ҳəр бир Израил хожалығы бир қозы алып, оны сойыўы ҳəм қанын үйдиң қапысының жоқарғы жағы менен оң ҳəм шеп жақлаўларына жағып шығыўы тийис еди. Солай етсе ғана олар Қудайдың ҳүкиминен қутылып, Мысыр қуллығынан азат бола алатуғын еди. Петр батыллық пенен Қутқарылыў тымсалларын Масих пенен байланыстырады (Павел де солай ис тутып: «Масих — бизлер ушын қурбан болған Қутқарылыў байрамының Қозысы», — деген еди). Масихтың қаны бизлерди Қудайдың ҳүкиминен ҳəм гүнаның қуллығынан қутқарыў ушын төгилди. Егер бизлер буннан пайда көрмекши болсақ, усы қан жүреклеримизге себилиўи, яғный ҳəр бир адамның жеке өзине себилиўи тийис.
Петрдиң биринши хатындағы 3-бап, 18-аятта да атанақ ағаш ҳаққында мынадай əҳмийетли сөзлер айтылған: «Масихтың Өзи де ҳақ бола тура, наҳақлар ушын азап шекти. Ол бизлерди Қудайға алып келиў ушын, гүналарымыз ушын бир мəртебе қурбан болды». Гүна бизлерди Қудайдан айырды. Бирақ, Масих бизлерди Қудайға алып келиўди қəледи. Сонлықтан, Ол бизлердиң гүналарымыз ушын азап шекти, айыпсыз Қутқарыўшы айыплы гүнакар адамлар ушын өлди. Ол турақлылық пенен, буны ҳеш ким қайталамаўы, жақсырақ ислемеўи ҳəм толықтырмаўы ушын, бир мəртебе ислеген еди.
Бул жерде жасырын болған ишки мағана бар екенин нəзерден қашырмаўымыз лазым. Буның мəниси — диний үрп-əдетлерди орынлаў ҳəм саўап ислеримиз бизлерге қутқарылыў бере алмайды дегенди билдиреди. Солай болса да, Батыс еллериндеги көплеген адамлар масихыйлықты мысқыллаўға кирисип кетти. Олар масихыйлардың Хош Хабары менен шығыс динлери арасындағы тийкарғы өзгешеликлерди көре алмай атыр. Өйткени, олар ҳəр бир динди адам қəдириниң системасы деп есаплайды. «Қудай өзине өзи жəрдем еткен адамға жəрдем береди», — дейди олар. Бирақ, бул пикир Масихтың атанақ ағашы менен үйлеспейди. Масих бизлердиң барлық гүналарымызды жуўыў ушын өлди. Буның себебин əпиўайы ғана түсиндириўге болады. Өйткени, бизлер өзлеримиз оларды жуўа алмас едик. Егер бул ис бизлердиң қолымыздан келгенде, Оның өлиўи қəжет болмаған болар еди. Негизинде, егер бизлер Қудайдың мийрими-шəпəəтине өзлеримиз-ақ ерисе аламыз, деп исенсек, онда Ийса Масихты қапа қылған боламыз. Бул бизлердиң Оған: «Сенсиз-ақ өзлеримиз ислей аламыз, өлиўиңниң де кереги жоқ еди», — дегенимиз бенен тең болады. Павелдиң жазғанындай: «Егер де Мухаддес Нызам (яғный, бойсыныў) арқалы ақланыў (яғный, Қудайдың бизлерди қабыл етиўи) мүмкин болғанда, онда Масих бийкарға өлген болар еди».
Павелдиң заманында болғаны сыяқлы, атанақ ағаш ҳаққында айтылған Хабар бизиң заманымызда да даналар ушын ақылсызлық, ал өзлигинше ақланбақшы болғанлар ушын сүрниктиретуғын тас болып қалмақта. Деген менен, ол миллионлаған адамлардың ҳүжданына тынышлық алып келди.
Ибадатхананың бас руўханийи болған Ричард Хукер 1585-жылы оқыған ўазында былай деген еди:
«Мейли, буны ойсызлық, ақылсызлық, ғəзеп, я болмаса жəне басқа нəрсе дей қойсын. Бул — бизлердиң даналығымыз ҳəм жубанышымыз. Адам гүна ислегени, ал Қудай азап шеккени ҳаққында тəлийматтан басқа, бул дүньядағы ҳеш бир тəлиймат бизлерге кереги жоқ. Қудай Өзин адамлардың гүнасына айландырды, ал адамлар Қудайдың ҳақлығына айланды».
Ҳəр бир масихый адам бул сөзлерди тəкирарлай алады. Масихтың жарақатлары арқалы шыпаланыў, өлими арқалы өмир, жəбир көриўи арқалы кеширим, азап шеккени арқалы қутқарылыў келди.
8
Масихтың қутқарыўы
Қутқарыў — бул кең мəниске ийе сөз. Оны кеши рим сөзиниң синоними деў үлкен қəте болған болар еди. Қудай ушын бизлердиң ҳəзирги ҳəм келешек жағдайымыз əҳмийетли болғаны сыяқлы, Ол ушын бизлердиң өтмишимиз де əҳмийетли. Бириншиден, Оның жобасы — бизлерди Өзи менен жарастырыўдан ибарат. Кейин Ол бизлерди əсте-ақырын өзлеримизге көбирек дыққат аўдарыўдан азат қылыўды, бизлер менен басқа адамлар арасына жақсы қарым — қатнас орнатыўды қəлейди. Бизлер биринши гезекте Масихтың өлими арқалы ғана кеширим алып, жарастық. Енди тек Оның Руўхы ғана бизлерди өзлеримизден азат қылады ҳəм бизлер тек Оның жəмəəтинде ғана сүйиспеншиликли қарым-қатнасқа шерик бола аламыз. Енди бизлер Масихтың қутқарыўы бойынша төмендеги нəрселерди қарап шығамыз.
Масихтың Руўхы
Бурын көрип өткенимиздей, бизлер гүналарымызға бир-бири менен байланыслы жоқ нəрселерге қарағандай қарамаўымыз тийис. Ал, оларға ишки руўхый кеселликке қарағандай қараўымыз лазым. Ийса оларды анықлап түсиндириў ушын терек ҳəм оның мийўелерин мысал қылып көрсеткен еди. Ол мийўениң қандай болыўы мийўе өскен терекке байланыслы екенин үйреткен еди. Ийса: «Ҳəр бир жақсы терек жақсы мийўе береди, жаман терек жаман мийўе береди. Жақсы терек жаман мийўе, жаман терек жақсы мийўе бере алмайды», — деген еди. (Матта 7:17, 18).
Солай етип, бизлердиң гүналарымыздың пайда болыў себеби — бизлер мийрас етип алған бузылған ҳəм өзлеримизди көбирек ойлайтуғын тəбиятымыздан ибарат. Ийсаның айтқанындай, бизлердиң гүналарымыз иштен, жүректен шығады. Сонлықтан, минез-қулықтың жақсы тəрепке өзгериўи тəбиятымыздың өзгериўине байланыслы. «Теректи жақсы қылсаң, оның мийўеси де жақсы болады», — деген еди Ийса.
Деген менен, адам тəбиятын өзгертиўге бола ма? Тоңқылдақ адамды мүлəйим адамға, менменди кишипейилге, өзин көбирек ойлайтуғын адамды басқаларды көбирек қайғыратуғын адамға айландырыўға бола ма? Бундай кəраматлардың болыўы мүмкин екенин Мухаддес Китап исенимли түрде жəриялайды. Бул — Хош Хабардың даңқының бир бөлеги. Ийса Масих бизлерге тек Қудай алдындағы жағдайымызды емес, ал тəбиятымыздың өзин өзгертиўди усынады. Ийса Никодимге қайтадан туўылыў зəрүр екенлигин айтқан еди. Оның сөзлери бизлер ушын еле де ҳақыйқат. Ийса Никодимге: «Саған шынын, ҳақыйқатын айтаман: ким де ким қайтадан туўылмаса, Қудайдың Патшалығын көре алмайды. Саған: «Қайтадан туўылыўың керек», — дегениме ҳайран қалма», — деген еди.
Ал, Павелдиң сөзлери буннан да бетер шийеленискен болып, ол ҳəтте, фейилсиз сөзлерди айтып: «Ким де ким Масих пенен байланысқа ийе болса, ол — жаңа жаратылыс», — дейди (2 Кор. 5:17). Демек, бул жерде Жаңа Келисим айтқан жаңа мүмкиншилик — жаңа жүрек, жаңа тəбият, қайтадан туўылыў ҳəм жаңа жаратылыс бар.
Адамның ишиндеги өзгерислер — бул Мухаддес Руўхтың иси. Жаңадан туўылыў — бул «жоқарыдан» туўылыў. Қайтадан туўылыў — бул Мухаддес Руўхтан туўылыў дегенди аңлатады. Бул жерде Мухаддес Үшбирлик ҳаққында сырлы тəлийматты талқылап отырыўдың қəжети жоқ шығар. Бизлер ушын ишки кеширмелерин ўазларында билдирген елшилердиң Мухаддес Руўх ҳаққында жазғанына қараў жеткиликли болады.
Деген менен, дəслеп мына нəрсени түсинип жетиўимиз əҳмийетли: Мухаддес Руўх Елиўинши күннен баслап пайда болып, сол күннен баслап Өз хызметин баслаған жоқ. Мухаддес Руўх — Қудайдың Өзи. Сонлықтан, Ол мəңгиге бар ҳəм дүнья жаратылған ўақыттан Өз исин баслады. Ески Келисим Ол туўралы көп мəрте айтты. Пайғамбарлар да Мухаддес Руўхтың иси раўажланып, кеңейетуғын ўақтын, Қудайдың Өз халқына Мухаддес Руўхты берип, бул арқалы Өз нызамын орынлаўға оған мүмкиншилик туўдырып бериўин асығыслық пенен күткен еди.
Ески Келисим пайғамбарларды болжап айтқан нəрселердиң Масих жақын арада болатуғынын ўəде етти. Өлиминен бир неше саат бурын кишкене бөлмеде елшилери менен бирге болған Ийса Жубатыўшы ҳаққында айтып, ҳақыйқатлық Руўхы болған Ол келип, Өзиниң орнын ийелейтуғынын билдирген еди.
Өзинен гөре, Мухаддес Руўхтың олар менен бирге болғанын жақсырақ деп билип, Ийса: «Мениң кеткеним сизлер ушын жақсырақ. Егер мен кетпесем, сизлерге Жубатыўшы келмейди. Егер кетсем, Оны сизлерге жиберемен», — деген еди (Юҳ. 16:7). Бул жерде артықмашлық мынадан ибарат еди: Масих олар менен бирге болады, ол Мухаддес Руўх олардың ишинде болады (Юн 14:17).
Бизлер анық мəнисте Ийсаның устазлық хызмети келиспеди, деп айта алған болар едик. Ол шəкиртлерин бир неше мəрте кишипейил болыўға, кишкене бала сыяқлы болыўға шақырса да, Симон Петр менмен ҳəм өзимшил болып қалды. Ийса шəкиртлерине бир-бирин жақсы көриўди буйырса да, ҳəтте, Юхан «гүлдирмаманың баласы» деген атты алды. Солай болса да, Петрдиң биринши хатын оқысақ, онда кишипейиллик ҳаққында айтылғанын көрмеў мүмкин емес, ал Юханның хатлары сүйиспеншиликке толы. Бундай өзгерислерди ким пайда етти? Мухаддес Руўх. Ийса оларды сүйиспеншиликли ҳəм кишипейил болыўға үйретти. Бирақ, Мухаддес Руўх оларға түсип, оларды иштен өзгертпегенше, бундай қəсийетлердиң биреўи де оларда болмаған еди. Елиўинши күни ҳəмме Мухаддес Руўхқа толды (Елш 2:4). Бул ўақыя тек елшилер менен уллы ҳəм Мухаддес болған басқа адамлар ушын ғана болып өтти, деп ойламаңлар. Деген менен, бундай сыртқы қубылысқа ийе болған, күшли самал ҳəм отлы тиллер жəне қайталанады деп күте алмаймыз. «Мухаддес Руўхқа толыңлар», — деген буйрық ҳəмме масихыйларға қарата айтылған буйрық болып табылады. Ҳəр бир масихый жоқарыдан туўылғаннан баслап, Мухаддес Руўх оның ишинде жасайды. Бул ол ушын берилген руўхый ҳуқық. Негизинде, егер Мухаддес Руўх бизлерде жасамайтуғын болса, демек, бизлер ҳақыйқый масихыйлар болмағанымыз. «Ким де ким Масихтың Руўхына ийе болмаса, ол Масихқа тийисли емес», — деп жазған еди Павел (Ефес. 5:18 Рим 8:9).
Ал, Жаңа Келисим бизлерге мыналарды үйретеди: бизлер Ийса Масихқа өзлеримизди исенип тапсырсақ, Оған өзимизди берсек, бизлерге Мухаддес Руўх түседи. Ол Қудай тəрепинен бизлердиң «жүреклеримизге жиберилген» болып, денемизди Өзиниң Ибадатханасына айландырады (Галл. 4:6; 1 Кор. 6:9).
Бул, бизлер усы ўақыттан баслап гүнадан азатпыз дегенди аңлатпайды. Керисинше, бул нəрсе еле де күшлирек ҳəўиж алады, бирақ бир тəрепинен жеңиске қарай жол ашылады. Павел бул урысты галатиялыларға жазған хатының 5-бабында қызықлы түрде сүўретлейди. Урыс қатнасыўшыларының бири — «дене», яғный бизлердиң мийрас етип алған менмен тəбиятымыз ҳəм «Руўх». «Адам тəбиятының жаман қəлеўлери Мухаддес Руўхқа, Мухаддес Руўх адам тəбиятының жаман қəлеўлерине қарсы. Олар бир-бирине қарсы», — делинген.
Бул қурғақ диний теория емес, ал бир масихыйдың күнделикли өмиринде ушырасатуғын ҳақыйқатлық. Бизлер өзлеримизди төмен қарай тартатуғын гүнакар қəлеўлерди сеземиз, бирақ енди буған қарсы туратуғын, бизлерди жоқарыға, мухаддесликке қарай тартатуғын күш бар екенин де билемиз. Егер бизлер «денемиз»ге, яғный оның гүнакар қəлеўлерине еркинликти көбирек берсек, онда Павел 19–21 (Галл. 5-6) аятларда атап өткен əдепсиз ҳəм өзимшил қылықларға берилип кетемиз. Ал, егер бизлер Мухаддес Руўхтың бизлерде ҳəрекет етиўине толық жол қойсақ, буның нəтийжеси «сүйиспеншилик, қуўаныш, тынышлық, сабырлылық, жақсылық, мийримлилик, исеним, кишипейиллик ҳəм өзин тыйып билиўден ибарат» болады. Бул жақсы қəсийетлерди Павел «Мухаддес Руўхтың жемиси» деп атайды. Адамның минез-қулқы Мухаддес Руўх жумыс ислейтуғын бағқа уқсайды. Мухаддес Руўх бизлердиң тереклеримизди жақсы қылыўына жол қойып берейик, сонда жемислеримиз де жақсы болады.
«Мухаддес Руўхтың жемиси» өсип жетилисиўи ушын, «гүнакар тəбиятымыз» дың жаман қəлеўлерин қалай жүўенлей аламыз? Бул сораўға жуўапты бизлер өзлеримиздиң усы қəлеўлерге қандай қатнаста екенимизге қарап, биле аламыз. «Ийса Масихқа тийисли болғанлар өз тəбиятын қəлеўлери ҳəм нəпсилери менен бирликте атанақ ағашқа шегелеп қойған. Мухаддес Руўхқа бойсынып жасаңлар! Сонда өз тəбиятыңыздың жаман қəлеўлерине ҳеш қашан бойсынбайсызлар». Бизлер «гүнакар тəбиятымыз» дың жаман қəлеўлерине күшли қарсылық көрсетип, олардан аяўсыз түрде бас тартыўымыз, яғный оларды атанақ ағашқа «шегелеўимиз», ал өзлеримизде жасаўшы Мухаддес Руўхтың өмиримизде бийлик етиўине сөзсиз жол қойыўымыз тийис. Бизлер жаман қəлеўлеримизден қаншама көбирек ўаз кешип, Мухаддес Руўхқа бойсынып барсақ, гүнакар тəбиятымыздың жарамас ислериниң жоқ болып, олардың орнына Мухаддес Руўхтың əжайып жемислери пайда болып атырғанын көремиз.
Павел бул ҳаққында Коринфлилерге жазған екинши хатының, 3-бап, 18 аятында былай деп жазады: «Бизлердиң ҳəммемиз пердесиз жүз бенен Ийемиздиң уллылығын көремиз. Сол арқалы Оған уқсаў ушын өзгерип, уллылық үстине уллылыққа ерисип барамыз. Бул Руўх болған Ийемиздиң жəрдеминде иске асады». Бизлер тек Масихтың Руўхының жəрдеминде ғана Масихқа уқсап бара аламыз. Бизлер өзлеримиз де ҳəрекет етиўимиз, яғный тəўбе етиўимиз, исениўимиз ҳəм тəртипке бойсыныўымыз керек болады. Бирақ, негизинде мухаддесликке жетисип барыў тек ғана Мухаддес Руўхтың жəрдеминде иске асырылады.
Уильям Темпл бул бойынша мыналарды айтқан еди: «Маған «Гамлет», «Патша Лир» пьесаларын берип, меннен усындай пьеса жазыўды сораўдың кереги жоқ. Шекспир оларды жаза алды, бирақ мен жаза алмайман. Маған Ийса Масихтың өмирин көрсетип, солай жасаўды буйырыўдың кереги жоқ. Ийса солай жасай алды, бирақ мен жасай алмайман. Бирақ, егер Шекспирдиң руўхы маған кирип, менде жасай алғанда, мен ол сыяқлы жасай алған болар едим. Бул — масихый мухаддесликтиң сыры. Ийса сыяқлы жасаўға бизлер тырыспаўымыз керек, ал Ол Өз Руўхы менен бизлерде жасаўы тийис. Тек Оның үлгисин көриў жеткиликли емес. Ийса бизлерге Қутқарыўшы сыпатында керек.
Солай етип, тек Ийсаның өлими арқалы ғана бизлер гүналарымыз ушын алыўымыз керек жазадан қутыла аламыз. Жəне де, тек бизлерде жасаўшы Мухаддес Руўхтың жəрдеминде ғана гүналарымыздың бийлигин қулата аламыз.
Масихтың жəмəəти
Гүна — бул бузыўшы күш. Ол бизлердиң жақынларымыз бенен қарым-қатнасымызды бузады. Бизлерди Қудайдан ҳəм өзлеримиз сыяқлы болған адамлардан алыслатады. Бизлер өмир тəжирийбемизден жақсы билемиз, ҳəр қандай жəмəəт, мейли ол институт, емлеўхана, фабрика ямаса мекеме болсын, күншиллик ҳəм душпанлық орайына айланыўы мүмкин. Бизлерге «жалғыз жасаў» қыйын болады.
Бирақ, Қудайдың тилеги — бул бизлерди бир-биримиз бенен ҳəм Өзи менен жарастырыўдан ибарат. Сонлықтан Ол ғəрезсиз, ҳеш ким менен қарым-қатнасқа ийе болмаған адамларды басқалардан бөлек қутқармайды. Ол Өз меншигине
Бул Жаратылыс китабының биринши бапларынан-ақ анық көринеди. Қудай Ибрайымды шақырғанда, оған үйин ҳəм Месопотамиядағы жақынларын қалдырыўды буйырды. Қудай оған мийрас жер, аспандағы жулдызлар ҳəм теңиз жағасындағы қум сыяқлы есап-сансыз болған урпақлар беретуғынын ўəде етти. Ибрайымның урпақларын көбейтиўди ўəде еткенин ҳəм ол арқалы дүньядағы барлық халықларды да жарылқайтуғынын, Қудай Ибрайымның улы Ысаққа ҳəм ақлығы Яқыпқа да қайталап айтқан еди.
Деген менен, Яқып Мысырда, жат елде өлди. Оның он еки улы «Израил»дың он еки урыўының ата-бабасы болды. Израил деген атты Яқыпқа Қудай берген еди. Көп жыллардан соң Мысыр қуллығынан азат етилген «Израилдың усы урпақлары» менен Қудай өз келисимин қайтадан дүзди.
Бирақ, дүньядағы барлық хожалықлар қалай жарылқаныўы керек еди? Бир жүз жыллық изинен екинши жүз жыллық өтип, Израилдың тəғдир дегершиги айлана берди. Бирақ, Израил халқы дүньядағы басқа халықларға жарылқаў емес, ал ғарғыс алған халық болып көринди. Өз қоллары менен салған дийўал қоршаўында жасаған Қудайдың халқы напəк бутқа табыныўшылар менен қарым-қатнас жасаў арқалы ипласланыўдан сақ болып келди. Олар өзлерин дүньяға жарылқаў əкелиўшилер бола алмайтуғындай көрди. Бирақ, Қудай майлаған Масих келгенде, дүньяның ҳəмме шетинен Қудай Патшалығына кириўши адамлар келетуғынын көп пайғамбарлар Қудайдың сөзлери арқалы билетуғын еди.
Ақыры Ийса келди. Насыралы Ийса көптен бери күтилген Қудайдың Патшалығы жақынлағанын жəриялады. Жəне де, Ол арқадан, қубладан, батыстан ҳəм шығыстан көп адамлар келип, Ибрайым, Ысақ ҳəм Яқып пенен бирге дастурханлас болатуғынын айтты. Қудайдың халқы өз алдына бөлек миллет болмай, ағзалары ҳəр қыйлы миллет, патшалық ҳəм тиллерден болған жəмийетке айланады. «Барыңлар, барлық миллетлерди Маған шəкирт қылыңлар», — деп Өз шəкиртлерине өлимнен қайта тирилген Ийемиз буйырған еди. Ийса Өзиниң көп шəкиртлериниң жыйнағын «Өз жəмəəтим» деп атаған еди (Матта 28:19; 16:18).
Солай етип, Қудайдың Ибрайымға берген анты, яғный кейин оның урпақларына қайталаған анты дүньядағы исениўши жəмəəтлердиң көбейиўине қарай əмелге асып атыр. «Егер Масихқа тийисли болсаңыз, онда Ибрайымның урпағысыз. Қудайдың ўəдеси бойынша мийрасхорларсыз», — деп жазған еди Павел (Галл. 3:29).
Павел исениўшилердиң Масихтағы бирлиги ҳаққында айтқанда, адам денесин мысал етип келтирген еди. Оның айтыўы бойынша, исениўшилер жəмəəти — бул Масихтың денеси. Ҳəр бир исениўши — усы денениң мүшеси ямаса органы. Ал, Масихтың Өзи — денениң исин қадағалаўшы бас. Ҳəмме мүшелер бирдей хызмет атқармайды. Олардың ҳəр бири ден саўлықтың жақсы болыўы ушын үлкен пайда келтиреди.
Пүткил дене улыўма тиришилик пенен жасайды. Бул — Мухаддес Руўх. Ол денени бириктирип турады. Мухаддес Руўх себепли исениўшилер жəмəəти бирликке ийе. «Ҳəммемиз бир денемиз ҳəм бир Мухаддес Руўхқа ийемиз», — деп жазады Павел. Ҳəтте, исениўши жəмəəттиң сыртқы бөлиниўи, яғный бир шөлкем сыпатында бөлиниўи (бул туўралы айтыў өкинишли болса да) исениўши жəмəəттиң ишки ҳəм руўхый бирлигин буза алмайды. Исениўши жəмəəттиң бирлиги бузылмас болып, ол Мухаддес Руўхтың бирлиги ямаса Мухаддес Руўх пенен қарым-қатнас болып табылады (Еф. 4:3; Флп. 2:1; 2 Кор. 13:13). Бизлердиң буған қатнасыўымыз бизлерди терең ҳəм мəңгиге бирлестиреди.
Әлбетте, дүнья жүзиндеги пүткил исениўши жəмəəтлердиң, яғный Масихтың денесиниң ағзасыман дей турып, исениўши жəмəəт исинде қатнаспаў ақылсызлық болып есапланады. Бизлер бир исениўши жəмəəттиң ағзасы болсақ ғана Қудайға сыйыныў, басқа исениўшилер менен қуўанышлы қарым-қатнаста болыў, үлкенирек жəмийетлерге хызмет етиў мүмкиншилигине ийе боламыз.
Ҳəзир көп адамлар шөлкем сыпатында болған исениўши жəмəəтке қарсы шығады, ал айырымлар оннан пүткиллей ўаз кешеди. Жəмəəт ески, жабық ҳəм реакционшыл болса, онда бул түсиникли. Деген менен, исениўши жəмəəт қулап қалыўы мүмкин болған гүнакар адамлардан ибарат екенин умытпаў керек. Оннан қашыўымызға бул нəрсе себепши бола алмайды. Өйткени, бизлер өзлеримиз де гүнакармыз ҳəм қəте ислеп қойыўымыз мүмкин.
Жəне де, көзге көринетуғын исениўши жəмəəттиң ҳəмме ағзалары Ийса Масихтың жəмəəтиниң сөзсиз ағзалары емес екенин мойынлаўымыз тийис. Жəмəəт қағазларында ҳəм китапларында атлары болған айырым адамлардың атлары Ийсаның айтқанындай, ҳеш қашан аспанда жазылмаған. Бул жағдай Мухаддес Китапта жийи-жийи айтылатуғын болса да, оны бизлер шешпеймиз. «Кимниң Өзине тийисли екенин Қудай биледи». Суўға шомылдырылыў рəсими арқалы, руўханий Масихқа деген исенимин ашық
Мухаддес Руўх исениўши жəмəəттиң улыўма өмирин пайда етип қоймай, улыўма сүйиспеншилик те пайда етеди. Мухаддес Руўхтың биринши жемиси бул сүйиспеншилик. Мухаддес Руўхтың тəбиятының өзи сүйиспеншиликтен ибарат болғанлықтан, Мухаддес Руўх кимде жасаса, соған сүйиспеншилик инəм етеди. Бул əжайып сезимди барлық масихыйлар бастан кеширген. Олар өзлери танымайтуғын ҳəм өзлеринен улыўма басқаша өмир кеширетуғын масихыйларға деген усындай сезимге ийе. Қудайдың балалары арасында болған ҳəм раўажланып атырған қарым-қатнаслар, қаналас адамлардың қарым-қатнасларынан да терең ҳəм жақын. Бул — Қудай хожалығының жақынлығы. «Бизлер өзлеримиздиң өлимнен өмирге өткенимизди билемиз, себеби туўысқанларымызды сүйемиз», — деген еди Юхан (Юх. 1-х 3:14). Бул — тəсиршең сүйиспеншилик емес. Ол тек сезимлерден ибарат та емес. Бул — тийкарында өзи өзин қурбан етиў болған сүйиспеншилик болып, ол өзин басқаларға хызмет етиў, жəрдем бериў ҳəм байытыў арқалы көрсетеди. Тек сүйиспеншилик пенен ғана гүнаға қарсы турыўға болады. Өйткени, сүйиспеншилик бирлестиретуғын жерде гүна айырады ҳəм сүйиспеншилик жарастыратуғын жерде гүна қатнасықты үзеди. Әлбетте, исениўши жəмəəтлер тарийхында ақылсызлық ҳəм өзимшиллик пенен былғанған күнлер, ҳəтте, Масихтың тəлийматын ашық тəн алмаў жағдайлары да болды. Бүгин де айырым исениўши жəмəəтлер дəўлетли өмирде жасаўдың орнына, əлле-қашан өлген ямаса ҳəзир өлип атырған болып, биреўлери бөлек-бөлек болып бөлинген ҳəм сүйиспеншилик болмағаны себепли бузылған. Өзлериниң исенетуғынын айтып, өзлерин масихый деп атаўшы адамлардың ҳəммеси де Ийса Масихтың сүйиспеншилигин ҳəм өмирин көрсетип жасап атыр деп айтыў қыйын.
Деген менен, жергиликли исениўши жəмəəтке ағза болыў (бул жəмəəт минсиз болмаса да) адамға басқалар менен қарым-қатнас қылып, Масихқа сыйыныўға ҳəм гүўалық бериўге мүмкиншилик жаратады. Себеби Масих Өз халқына усы мүмкиншиликти береди.
IV
АДАМНЫҢ ЖУЎАБЫ
9
Баҳаны есаплаў
Усы жерге дейин, бизлер Насыралы Ийсаның айрықша қудайлық тəбияты ҳаққында базы гүўалықларды қарап шықтық. Өзи менен өзи бəнт болып, басқа адамлар менен жақсы қарым-қатнаста болмаған, Қудайдан алыслаған гүнакар адамның мүтəжлиги ҳаққында пикир жүргиздик. Жəне де, Масихтың бизлер ушын жеңип алған ҳəм бизлерге усынып атырған қутқарылыў бойынша көз-қарасларды айырып айттық. Ал енди болса, жеке сораў бериў ўақты да жетип келди. Яғный, Саулдың Дамаскке баратырған жолда Ийса Масихқа: «Ийем! Маған не ислеўди буйырасаң?» — деп сораў бергениндей, я болмаса Филип қаласындағы қамақхана хызметкериниң: «Қутқарылыўым ушын не ислеўим керек?» — деген сораўы сыяқлы сораў қойыўымыз тийис.
Бир нəрсе ислеўимиз керек екени анық. Масихыйлық — бул тек қандай да бир қағыйдалар жыйнағына (олар ҳақыйқат болса да) бойсыныў емес. Масихтың Қудай екенине ҳəм Оның қутқарыўына исениўи, адам өзин қутқарылыўға мүтəж болған гүнакар деп сезиўге болады. Бирақ, булар бизлерди еле масихый қылмайды. Бизлер өзимизди Ийса Масихқа Қутқарыўшымыз ҳəм Ийемиз сыпатында толық бағышлаўымыз арқалы, Оған жеке жуўабымызды бериўимиз тийис. Бундай шешим ҳаққында ендиги тараўда сөйлесип, ҳəзир ҳəр қыйлы практикалық пикирлерди қарап шығамыз.
Өз дининиң сыйдан ҳəм талаптан ибарат екенин Ийса ҳеш қашан жасырмаған еди. Ҳақыйқатында, бул талап қəншелли сөзсиз орынланыўы керек болса, сый да соншелли бийғəрез болды. Ийса адамларға қутқарылыў усыныс етти, бирақ соның менен бирге олардан бойсыныўды да талап етти. Өзиниң шəкиртлери болғысы келетуғын ақылсыз адамларды Ийса ҳеш қашан қоллап- қуўатламаған. Сораў берген адамларға да ҳеш қандай аўырманлық жүклемеген. Ийса жуўапкершиликти билмейтуғын жигерли адамларды да қуры қол қайтарған. Лука бизлерге өзлери Ийсаның изине ериўди қəлеген ямаса усыған мирəт етилген үш адам ҳаққында айтқан еди. Бирақ, олардың ҳеш бири де Ийемиздиң сынағынан өте алған жоқ. Жас, бай, əдеп-икрамлы, ҳадал, сүйкимли ҳəм жас ҳүкимдар жигит те мəңгилик өмирди өз талапларына сай алыўды қəлеп еди. Ол да Ийсаның қасынан қапа болып кетип қалды. Оның байлықлары солайынша қалды, бирақ ол өмирге де, Масихқа да ерисе алмады. Ийсаның изине қаншадан-қанша адамлар ерип жүрди. Мүмкин, олар өзлериниң садықлығын айтып бақырған ҳəм бул олардың садықлығын дəлийллеген болыўы да итимал. Деген менен, Ийса олардың Өзине деген қатнасығы қəншелли үстиртин екенин билетуғын еди. Ийса тоқтап, оларға қарата мына тымсалды сораў формасында айтқан еди: «Араңыздағы бириңиз минара қурмақшы болса, оны питкериў ушын ғəрежет жете ме деп, алдын-ала отырып, есаплап шықпай ма? Олай етпесе, тийкарын салып болып, қурып питкере алмай қалса, буны көргенлер оның үстинен күлип: «Мына адам қурыўды баслап, питкере алмады», — дейди» (Лука 14:28-30).
Масихыйлық майданында таслап кетилген, ярымы қурып питкерилген минаралар жайрап атыр. Оларды биреўлер қурыўды баслап, питкере алмаған. Өйткени, елеге дейин мыңлаған адамлар Масихтың ескертиўин есапқа алмай атыр. Олар алдын-ала ойланып алмай турып, Ийсаға ериўге шешим қабыл етеди. Буның нəтийжесинде масихый хожалықта үлкен жəнжел пайда болып, «тек аты масихый» деген термин келип шығады. Масихыйлық тарқаған мəмлекетлерде көплеген адамлар тек сыртқы жылтырақ көриниси менен ғана масихый. Олар өзлерине ҳүрмет келтиретуғын ислерде қатнасады, бирақ өзлерине қолайсыз ислерден бас тартады. Олардың дини — бул үлкен ҳəм қолайлы дастықтай. Ол сол адамларды өмирдиң қатты ҳəм жағымсыз тəреплеринен қорғайды. Оларға қолайлы болыў ушын, ол бирдей ўақыт ишинде өз орнын ҳəм формасын өзгертеди. Уятсыз адамлардың жəмəəт ишиндеги еки жүзлилер ҳаққында айтып, динди ҳақыйқатлықтан қашыў деп көрсетиўи де таң қаларлық нəрсе емес.
Ал, Ийсаның шақырығы улыўма басқаша еди. Ол адамлардың Өз шақырығын таярлық пенен қабыл етиўи ушын, Өз өлшемлерин пəсейтпеген ҳəм талапларын бийимлестирмеген.
Ийса бурын биринши шəкиртлеринен дəслеп ойланып алып, соңынан Өзине толық бойсыныўды талап еткен еди. Ол ҳəзир де ҳəр бир шəкиртинен соны талап етпекте. Буннан азына Ол қайылшылық бермейди.
Енди бизлер Ийсаның не дегенин толық ҳəм анық қарап шығыўымыз тийис:
«Соңынан Ийса шəкиртлери менен халықты Өзине шақырып алып: «Ким де ким Маған ергиси келсе, өзинен кешсин ҳəм атанақ ағашын арқалап, Мениң изиме ерсин. Себеби ким де ким өз жанын сақламақшы болса, оны жоғалтады. Ал ким де ким өз жанын Мен ҳəм Хош Хабар ушын жоғалтса, оны сақлап қалады. Адам пүткил дүньяны ийелеп алып, бирақ өз жанын жоғалтса, буннан оған не пайда? Ол өз жаны ушын қандай төлем бере алады? Егер ким де ким усы опасыз ҳəм гүнакар əўладта Меннен ҳəм Мениң сөзлеримнен арланса, Адам Улы да Әкесиниң салтанатында Өзиниң мухаддес периштелери менен келгенде, оннан арланады», — деди».
Ийсаның изинен ериўге шақырық
Масихтың шақырығы əпиўайы ғана: «Мениң изиме ер!» — деген сөзлерден ибарат болды. Ол ер адамлардан да, ҳаяллардан да жеке садықлықты талап етти. Ийса оларды Өзинен тəлим алыўға, сөзлерине бойсыныўға ҳəм өзлерин Өз иси менен байланыстырыўға шақырды.
Деген менен, алдын-ала ўаз кешпей турып, Оның изинен ериў мүмкин емес. Масихтың изине ериў деген сөзлер бир нəрселерден ўаз кешиў дегенди аңлатады. Ол жасаған дəўирде адам үйин ҳəм жумысын қалдырыў сыяқлы ис-ҳəрекетлер ўаз кешиўге жатты. Симон ҳəм Андрей «аўларын таслап», Ийсаның изине ерди. Яқып ҳəм Юхан «əкеси Зебедейди жумысшылар менен қайықта қалдырып», Ийсаның изине ерди. Ал, Матта салық кеңсесинде отырғанда, «Масихтың шақырығын еситип, орнынан турды да, Ийсаның изине ерди».
Бүгин де Ийемиз Ийсаның шақырығы өзгерген жоқ. Ол ҳəзир де: «Мениң изиме ериңлер!» — деп, «Ким де ким өзине тийисли ҳəмме нəрсени қалдырып, Мениң изиме ермесе, Мениң шəкиртим бола алмайды», — деп толықтырып айтады.
Деген менен, бул көп масихыйлар ушын үйин ямаса жумысын туўрыдан — туўры таслап кетиў, дегенди аңлатпайды. Буның мəниси — оларды Қудайға тапсырып, хожалығыңды ямаса өзиңди биринши орынға қоймаўдан ибарат.
Мен Ийса Масихқа ериў менен ажыралмас болған ўаз кешиў ҳаққында толығырақ айтқым келеди.
Бириншиден, бизлер гүнадан
Тəўбе етиў — ҳəр қандай жаман ой, жаман сөз, жаман ис ҳəм жаман əдеттен жүз бурыў дегенди билдиреди. Ҳүжданның қыйналғанын сезип, Қудай алдында кеширим сораў жеткиликли емес. Негизинде, тəўбе етиў сезимлер ҳəм сөзлер емес. Тəўбе етиў — гүнаға деген ой-пикирлердиң ҳəм қатнасықтың иштен өзгериўинен ибарат. Бул минез — қулықтың өзгериўине алып келеди.
Бул жерде келисим болыўы мүмкин емес. Өмиримизде бир гүналар болыўы мүмкин, бизлер олардан ўаз кешиўди көз алдымызға келтире алмаймыз. Бирақ, бизлер Қудайдан азат қылыўды сорап жалбарынғанымызда, сол гүналардан азат болыўды
Ийса Өз шəкиртлерине өзлерин азғырыўшы көз, қол ямаса аяқты кесип таслаўды буйырды. Әлбетте, бизлер буны туўры түсинип, өз денемизди майып қылмаўымыз керек. Бул бизлерге азғырылыўға қарсы реҳимсиз болыў кереклигин айтады.
Айырым ўақытлары ҳақыйқый тəўбе етиў «қайта тиклеўди» де өз ишине алыўы тийис. Жəне де, бул өзлеримиз қапа қылған адамлар менен жарасыў дегенди аңлатады. Бизлердиң барлық гүналарымыз Қудайдың жүрегине жарақат салады. Бизлердиң ҳеш бир исимиз бул жарақатты шыпалай алмайды. Тек Қутқарыўшымыз Ийса Масихтың қутқарыў əкелиўши өлими ғана шыпа бериўге қүдиретли. Бирақ, егер бизлердиң гүналарымыз басқа адамларға жəбир берген болса, айырым ўақытлары бизлер бузылған нəрселерди тиклей аламыз. Егер буған мүмкиншилик болса, бизлер буны ислеўимиз керек. Наҳақ Зақай адамлардан жеген ақшаларын еселеп төледи ҳəм өзи алған нəрселердиң орнын өтеў ушын, мал-мүлкиниң ярымын жарлыларға беретуғынын айтып, ўəде етти.
Бизлер Зақайдан үлги алыўымыз тийис. Мүмкин бизлер ақша ямаса ўақытты қайтып бериўимиз, қандай да сөзлерди бийкарлаўымыз, қандай да мүлкти қайтарып бериўимиз, кеширим сораўымыз ҳəм үзилген қатнасықларды тиклеўимиз керек шығар.
Деген менен, бул исте шектен тыс ҳəрекет ислеўге болмайды. Кейинги он жыллықта айтылған елеспесиз сөзлерди еске түсириў ҳəм өзлеримиз қапа қылған адамларға ислеген ислеримизди олар умытқан болса да еслеў ақылсызлық болар. Сондай болса да, бул қарызға тереңирек қараўымыз лазым. Мен университет басшыларына имтиханда көширгенин мойынлаған студент қызды, дүканнан урлаған китабын қайтып берген студент жигитти де билемен. Бир офицер де Қорғаныў Министирлигине «өзиники қылған» нəрселердиң дизимин жоллаған еди.
Егер бизлер ҳақыйқаттан тəўбе етсек, өтмиште болған нəрселерди дүзетиўге бар күшимизди жумсаўды қəлеймиз. Өзлеримиз кешириўди сорап атырған гүналардың жемисинен рəҳəтлене алмаймыз.
Екиншиден, бизлер
Бул демек
Ийса қолланған келеси сөзлер:
Ал «Лука жазған Хош Хабар» да Масихтың бул сөзлерине «ҳəр күни» деген рəўиш те қосылған. Масихый ҳəр күни өлиўи керек. Ол ҳəр күни өз еркиниң бийлигинен ўаз кешиўи ҳəм өзиниң Ийса Масихқа деген сөзсиз бойсыныўын жаңалап барыўы зəрүр.
Ийса адамның өзинен кешиўин сүўретлегенде қолланған үшинши сөз бирлиги — «
Солай етип, адам өзин Масихқа бойсындырып, өзин жоғалтады. Деген менен, бул адам өзиниң өзгешелигин жойтады дегенди билдирмейди. Ҳақыйқаттан да, адамның ерки Масихқа бойсынады, бирақ оның өзи Масихтың Өзлигинен бөлинеди. Яғный, масихый өзин жоғалтыўы арқалы өзин таўып, өзиниң ҳақыйқый өзлигин ашады.
Жуўмақластырып айтқанда, Масихтың изине ериў ушын, адам өзинен кешиўи, өзин атанақ ағашқа шегелеўи ҳəм өзин жоғалтыўы лазым. Енди Масихтың толық ҳəм булжымас талабы пүткиллей анық болды. Ол бизлерди өз жүрегимизге итибарсызлық пенен қулақ салыўға емес, ал инта менен толық садықлық көрсетиўге шақырмақта. Жəне де, Ол бизлерди Оны Ийемиз қылыўға шақырады.
Ҳəзир айырым адамлар арасында таң қаларлық пикирлер бар. Мысалы: олар Масихтың қутқарыўын алыў ушын, Оның бийлигин қабыл етпесе де болады, деп есаплайды. Бундай турақсыз түсиник Жаңа Келисимде жоқ. «Ийемиз Ийса» деген сөзлер биринши масихыйлардың исениминиң тымсалы болды. Сол ўақытлары Рим империясы өз пуқараларын «Ийемиз — патша (Қайсар)» деп айтыўға мəжбүрлейтуғын еди. Бирақ, масихыйлар жөгишилик қыла алмас еди. Олар патшаға биринши антын бере алмайтуғын еди, себеби оны əлле-қашан император Ийсаға берген еди. Қудай Өз Улы Ийсаны барлық ҳүкимдарлар ҳəм ҳəкимшиликлерден жоқары мəртебеге еристирип, барлық атлардан жоқары туратуғын атты берди. «Солай етип, Ийсаның алдында ҳəмме дизе бүгип, Оны Ийемиз деп ашық мойынлайды» (Флп 2:10-11).
Масихты Ийемиз қылыў — бул Оған өзимиздиң жəмийетлик ҳəм жеке өмиримиздиң ҳəр бир тараўын қадағалаўға тапсырыў дегенди билдиреди. Бул бизиң жумысымызды да өз ишине алады. Ҳəр бир адамның өмири бойынша Қудайдың Өз мақсети бар. Бизлердиң ўазыйпамыз — усы мақсетти билип, оған қарай жүриўден ибарат. Мүмкин, Қудайдың жобасы бизиң ата-анамыздың ямаса өзлеримиздиң жобамыз бенен туўры келмейтуғын шығар. Егер масихый ақыллы болса, ол ҳеш нəрсени асығыс түрде, ойланбастан ислемейди. Бəлким, ол əлле-қашан Ийемиздиң ол ушын арнаған жеринде ислеп атырған ямаса усыған таярлық көрип атырған болыўы итимал. Бирақ, басқаша болыўы да мүмкин. Егер Масих бизлердиң Ийемиз болса, сана-сезимимиздиң өзгериўине жол ашыўымыз тийис.
Әлбетте, Ийемиз барлық масихыйларды хызметке шақырып атыр. Яғный, бизлер Масих ушын басқаларға хызмет етиўимиз керек. Ҳеш бир масихый өзи ушын жасаўды даўам ете алмайды. Хызметтиң қандай болыў кереклиги анық емес. Хызмет — бул жəмəəттеги қандай да бир хызмет я болмаса шет елдеги хызмет болыўы мүмкин. Ҳəр бир масихый усындай хызметке шақырылған деў де қəте болады. «Масихыйлық хызмет» деген атқа ылайықлы болған басқа да хызметлер бар. Мысалы: көп ҳаяллар жубай, ана ҳəм үй бийкеси болыў ушын шақырылған. Тийкарында бул да масихыйлық хызмет, себеби олар Масихқа, өз хожалығына ҳəм жəмийетке хызмет етеди. Медицина, илим, юриспруденция, билим бериў, жəмийетлик хызмет көрсетиў, орайлық ҳəм жергиликли ҳəкимият, санаат, саўда-сатық тараўларында исленген ҳəр қандай хызмет те Қудай менен биргеликте адамға исленген хызмет болып табылады.
Өз өмириңиз бойынша Қудайдың еркин ашыўға асықпаңлар. Егер сиз оның еркине бойсынып, Оның қашан еркин ашып беретуғынын күтип атырған болсаңыз, Ол буны ўақты келгенде ислейди. Қандай жағдай болса да, масихый бийталап болмаўы керек. Ол ким болыўына қарамай, мейли ол басшы, хызметкер ямаса жеке исбилермен болсын, оның аспанда Хожайыны бар. Масихый жумысында Қудайдың мақсетин билиўди үйрениўи ҳəм өз исин шын жүректен орынлаўы зəрүр. Себеби ол адамларға емес, ал Ийемизге хызмет етип атыр.
Ийса Масихтың бийлиги астында болыўы керек өмиримиздиң жəне бир тараўы — бул бизиң некемиз ҳəм үйимиз. Бир күни Ийса: «Мени жер жүзине татыўлық əкелген, деп ойламаңлар. Мен татыўлық емес, қылыш бериўге келдим» деген еди (Мт. 10:34). Кейин Ол бир хожалықта бир адам өзине ерсе, қандай қарама-қарсылықлар келип шығатуғынын айтқан еди.
Ҳəзир де хожалықта усындай қарама-қарсылықлар болып турады. Масихый адам жəнжел шығармаўы тийис. Өз ата-анасын, хожалықтағы адамларды сүйиў ҳəм ҳүрмет етиў — оның ўазыйпасы. Ол жарастырыўшы болыў ушын шақырылғанлықтан, қолынан келгенше келисимли болыўы, бирақ Қудай алдындағы ўазыйпасын умытпаўы лазым. Масихый Масихтың мына сөзлерин ҳеш қашан умытпаўы зəрүр: «Ким де ким Меннен артық əкесин ямаса анасын, улын ямаса қызын сүйсе, ол Маған ылайықлы емес (Мт. 10:37).
Масихый адам тек масихый адамға үйлене алады. Мухаддес Китапта бул ҳаққында анық айтылған: «Исенбейтуғынлар менен бирге бир мойынтырықтың астына кирмеңлер» (2 Кор. 6:14). Бул буйрық əлле-қашан атастырылған адамларды қатты қапа қылыўы мүмкин. Бирақ, буған салдамлы түрде қатнас жасаған дурыс болады. Неке — əпиўайы жəмийетлик үрп-əдет емес. Ал, Қудай мухаддес қылып бирлестиретуғын аўқам. Некедеги қарым-қатнас — адам баласы жасайтуғын терең байланыстан ибарат. Қудай некени тек физикалық, интеллектуаллық, эмоционаллық ҳəм жəмийетлик аўқам сыпатында емес, ал сырлы ҳəм руўхый аўқам сыпатында ойлап тапқан еди. Руўхый бирликке ийе емес адам менен үйленген масихый тек Қудайға қулақ аспаған болып қалмай, ол Қудай некеде көриўди қəлеген бирликти де жойтқан болады. Бул балалар мəселесинде де қəўип туўғызады, өйткени олар өз үйинде дин бойынша пайда болатуғын жəнжеллердиң гүўасы болады. Жəне де, олар ҳəм əкеси, ҳəм анасынан алыўы керек болған диний тəлимди алыў мүмкиншилигинен айырылады.
Негизинде, масихый болыўдың өзи адамға үлкен өзгерислер алып келгенликтен, адамның некеге деген қатнасы ҳəм жыныслар арасындағы қарым-қатнаслар да өзгериўи мүмкин. Бизлер жыныслар арасындағы, яғный ер адам менен ҳаял адамның арасындағы тийкарғы айырмашылықты, олардың Қудайдың жаратылысы сыпатында бир-бирине деген мүтəжлигин үйрене баслаймыз. Енди жынысый қарым-қатнасқа да ойламағанда болып қалған, əйтеўир бир нəрсеге қарағандай қарамай, оған Қудайдың көз-қарасы менен қараймыз. Ол бизлер ушын жақсы, дурыс, мухаббатты билдириўши, Қудай белгилеген ҳəм адам баласына тəн нəрсеге айланады.
Бизлер Ийсаға Ийемиз сыпатында өмиримизди бойсындырғанымызда, Ол бизлердиң ақшамыздың ҳəм ўақтымыздың да Ийеси болыўы тийис. Ийса ақша ҳаққында ҳəм байлықтың қəўипли екени ҳаққында жийи-жийи айтқан еди. Ийсаның бул бойынша айтқан сөзлери көп жағдайларда қəўтерге толы еди. Ол бир ўақытлары Өз шəкиртлерине бар дүньясын үлестирип бериўди мəслəҳəт еткендей болып көринеди. Бүгин де Ийса айырым шəкиртлерин усынлай ислеўге шақырады. Бирақ, көплеген адамлар бул буйрықты туўрыдан-туўры мəнисте түсинбей, байлықтан ишки сезимлер менен ўаз кешиў кереклигин түсиниў керек. Жаңа Келисим байлықтың өзи гүна екенин нəзерде тутпайды.
Әлбетте, Ийса бизлердиң Өзин материаллық байлықтан ҳəм хожалықтағы жақынлықтан жоқары қойыўымызды қəлейди. Бизлер ҳəм Қудайға, ҳəм байлыққа бирдей хызмет ете алмаймыз. Оннан қала берсе, бизлер ақшаны ақыллылық пенен сарплай билиўимиз зəрүр. Қудай бизлерге ақшаны сарплаў ушын береди. Байлық пенен жарлылық арасындағы парық үлкейип баратырған ҳəзирги бизлер жасап атырған дəўирде, масихыйлық хызметти алып барыўға ғəрежеттиң жетпеўи көп қыйыншылықлар алып келеди. Бизлер тəртипке бойсынған ҳалда сақыйлық пенен бере алыўымыз лазым.
Ҳəзир бизлердиң заманымызда ўақыт — үлкен машқала. Жақында тəўбе еткен масихыйдың өзи жақтыратуғын нəрселердиң қайсысы əҳмийетлирек екенин белгилеп алыў кереклиги сөзсиз. Ол студент болған ўақытта оқыў биринши орында турады. Масихый өзин мийнеткеш ҳəм ҳадал қылып көрсетиўи керек. Бирақ, студент жаңа сабақларға да ўақыт ажыратыўы лазым. Ол ўақты тығыз болса да, ҳəр күни дуўа етиўге ҳəм Мухаддес Китапты оқыўға ўақыт ажыратыўы, дем алыў ҳəм сыйыныў күни болып белгиленген екшемби күнин Ийемизге арнаўы зəрүр. Жəне де, ол басқа масихыйлар менен қарым-қатнас жасаўға, масихый əдебиятларды оқыўға ҳəм жəмəəттеги қандай да бир хызметке ўақыт табыўы тийис.
Егер бизлер гүнадан ҳəм өзимизден кешип, Масихқа ергимиз келсе, булардың ҳəммеси əҳмийетли болып табылады.
Ийсаны ашық тəн алыўға шақырық
Бизлерге тек Ийсаға ериў емес, ал Оны адамлар алдында ашық тəн алыў да буйырылған. Егер бизлер адамлар алдында Оннан танатуғын болсақ, өзимизден жасырын кешкенимиз жеткиликли емес. Ийса: «Егер ким де ким усы опасыз ҳəм гүнакар əўладта Меннен ҳəм Мениң сөзлеримнен арланса, Адам Улы да Әкесиниң салтанатында Өзиниң Мухаддес периштелери менен келгенде, оннан арланады», — деген еди (Мк 8:38). Жəне де, Ол:
«Солай етип, ким де ким Мени адамлар алдында тəн алса, Мен де оны аспандағы Әкемниң алдында тəн аламан. Ал ким де ким Мени адамлар алдында тəн алмаса, Мен де оны аспандағы Әкемниң алдында тəн алмайман», — деген еди.
Ийсаның бизлерге Өзинен арланбаўды буйырғанының өзи бизлер азғырылып, Оннан арланыўымыз мүмкин екенин көрсетеди. Ийсаның: «бул опасыз ҳəм гүнакар əўладта» деген сөзлери Оның буған не себеп болатуғынын билгенин де көрсетеди. Ийса Өз жəмəəтиниң бул дүньяда аз санды қурайтуғын ҳəрекет болатуғынын анық билген еди. Көп санлы исенбейтуғын адамларға аз санлы исениўшилердиң қарсы шығыўы ушын батыллық керек болады. Егер сол аз санлы адамлар белгили болмаса ҳəм басқаларды өзине тарта алмаса, жəне де қыйынырақ болады.
Деген менен, Ийсаны ашық тəн алыўдан қашпаў керек. Павел буның қутқарылыў əкелетуғынын айтқан еди. Қутқарылыў ушын жүректен исениў, Ийсаны Ийем деп ашық тəн алыў кереклигин, адам шын жүректен исенгени арқалы ақланатуғынын, «исеними ҳаққында аўзы менен ашық тəн алғаны арқалы қутқарылатуғынын» да билдирген еди. Мүмкин, Павел бул жерде суўға шомылдырылыў рəсими ҳаққында айтқан шығар. Әлбетте, жақында тəўбеге келген адам суўға шомылдырылыў рəсиминен өтиўи, бул арқалы өзиниң ишки жақтан тазаланып, Масихта жаңа өмирге ерискенин билдириўи ҳəм Ийса Масихқа Қутқарыўшым ҳəм Ийем деп исенгенин жəриялаўы зəрүр.
Бирақ, масихыйдың ашық тəн алыўы суўға шомылдырылыў рəсими менен жуўмақланбайды. Ол өзиниң масихый екенин (биринши гезекте қалай жасап атырғанына қарап) үй-иши ҳəм дослары билиўин қəлеўи керек. Масихый, əлбетте, бул ҳаққында гүўалық бериўге мүмкиншилик табады. Деген менен, ол ҳадал ҳəм кишипейил болып, басқалардың өмирине рухсатсыз араласпаўы лазым. Буның үстине, ол жəмəəтте, институтта, ямаса жумыста басқа масихыйлар менен қарым-қатнас жасайды, өзин масихый деп танытыўға қорқпайды. Керек болса, досларын Масихқа əкелиў ушын дуўа етеди, гүўалық айтады ҳəм үлги көрсетеди.
Себеп
Масихтың талабын орынлаў аңсат емес. Ол талап еткен толық бойсыныў ҳаққында айтатуғын болсақ, буның ушын күшли себеп болыўы керек. Биринши себеп —
«Ким де ким өз жанын сақламақшы болса, оны жоғалтады. Ал ким де ким өз жанын Мен ҳəм Хош Хабар ушын жоғалтса, оны сақлап қалады. Адам пүткил дүньяны ийелеп алып, бирақ өз жанын жоғалтса, буннан оған не пайда? Ол өз жаны ушын қандай төлем бере алады?»
Көп адамлардың ишинде қорқыныш терең жайласқан болып, олар Ийсаға бойсынса, утылып қалыўдан қорқады. Олар Ийсаның бул дүньяға бизлердиң «дəўлетли өмир»ге ерисиўимиз ушын келгенин, Оның нийети бизлерди жарлы қалыўдан емес, ал байытыўдан ибарат екенин ҳəм оған хызмет етиў — толық азатлық екенин умытып қояды.
Әлбетте, бизлер Масихқа бойсынып, бир нəрселерди жоғалтамыз. Бизлер гүна ҳəм менменликтен ўаз кешиўимиз, бəлким айырым досларымыздан айырылыўымыз да мүмкин. Бирақ, бизлер жойытқан нəрселердиң орны мол-мол етип толтырылады. Масихтың тəлийматы ҳəм масихыйдың өмириниң ҳəдден тыс таң қаларлық қəсийети — бул адамның өзин табыўынан ибарат. Яғный, масихый Масихқа ергени себепли өзин жойытқаны менен, тийкарында өзин табады. Адамның ҳақыйқаттан өзинен кешиўи — бул оның ҳақыйқаттан өзин табыўы демек. Адамның өзи ушын жасаўы — бул ақылсызлық ҳəм өз-өзин өлтириўи болып табылады, ал Масих ҳəм адамлар ушын жасаўы — бул даналық ҳəм ҳақыйқый өмир болып табылады. Бизлер өзимизди Масихқа ҳəм басқаларға хызмет етиўимиз арқалы жойтыўды қəлемегенимизше, өзлеримизди таба алмаймыз.
Бул ҳақыйқатты еле де айқынырақ қылыў ушын, Ийса пүткил дүнья менен жеке адам арасына қарама-қарсылық қойды. Ол кирис ҳəм шығыс бойынша сораў таслап: «Сизлер пүткил дүньяны ийелеп алғаныңыз бенен, өзлериңизди жойытсаңыз, сизлер неге ерисесиз?» — деген еди. Адамның өз мəпин гөзлеўи бойынша дəлийллер келтирип, Өзине ерген адам сөзсиз пайда көретуғынын билдирген еди. Масихқа ериў — бул адамның өзин табыўынан ибарат. Ал, адамның өз-өзинен айырылмай, Масихқа ериўден бас тартыўы себепли, ол өзин жойтып, қандай да бир материаллық байлықларға ерисе алса да, мəңгилик өмирди алыў ҳуқықынан айырылады. Не ушын? Бириншиден, бизлер пүткил дүньяға ийелик ете алмаймыз. Екиншиден, бизлер оған ийелик ете алған жағдайымызда да, ол мəңгилик емес. Үшиншиден, дүнья дүнья болып турса да ол адамды қанаатландыра алмайды. «Адам өз жаны ушын қандай төлем бере алады?». Төлем ушын берилетуғындай, ҳеш қандай қымбатлы нəрсе жоқ. Әлбетте, бизлер масихый болыўымыз ушын, қандай да бир төлемлерди төлеймиз. Деген менен, масихый болмаў буннан да қымбатыраққа түседи. Бул адамның өзин-өзи жойтыўы дегенди аңлатады.
Масихыйлардың бойсыныўының екинши себеби — бул
Бизлердиң арамызда көпшилигимиз бул ғалма-ғал дүньяның қыйыншылықлары себепли жəбир шегемиз. Күн көрисимиздиң өзи қыйыншылық пенен кешеди. Әпиўайы пуқара жийи-жийи өзин шырмалған сиясаттың қурбаны ямаса заманагөй жəмийеттиң тыянақсыз ағзасындай сезеди. Бирақ, масихый өзин бундай ҳəлсиз сезбеўи керек. Өйткени, Ийса Масих Өз шəкиртлерин «дүньяның дузы ҳəм нуры» деп атаған-ғо. Тоңлатқыш ойлап табылмастан бурын дуз балық ҳəм гөшти қуртлаўдан сақлаўда қолланылатуғын еди. Масихыйлар да дуз сыяқлы жəмийетти бузылыўдан тыйыўы, əдеп-икрамлылық нормаларын сақлаўға жəрдем бериўи, жəмийеттиң пикирине тəсир жасаўы ҳəм нызам əдиллигин қорғаўы лазым. Дүньяның нуры болған масихыйлар Ийса Масих пенен байланыста болып, нур болып жарқыраўы тийис. Олар тынышлық, сүйиспеншилик, жеке қарым-қатнас ҳəм адамлардың өзгериўиниң сырын билип алғанлықтан, бул сырды адамлар менен бөлисиўи лазым. Масихый өз үйин ылайықлы түрде қурып, Ийса Масихтың Хош Хабарының нурын тарқатса, бул дүньяның мүтəжликлерин қандырыўға ең жақсы үлес қосқан болады.
Булардың ҳəммеси
Сонлықтан да, Ол атанақ ағашты алыўды талап етеди. Ол Өзи бергеннен көбин сорамайды. Ийса атанақ ағаш ушын атанақ ағаш сорайды. Бизлер Оған тек өзлеримиз ала алатуғын нəрсе ушын емес, ал Оның бизлерге берген нəрсеси ушын, Оған ериўимиз керек. Ийса бизлер ушын Өзин берген еди. Бул бизлер ушын қымбатқа түсе ме? Ол ушын бул қымбатқа түсти. Ийса Әкесиниң салтанатын, аспандағы азатлығын ҳəм есап-сансыз периштелердиң Өзине тəжим етиўлерин қалдырып келген еди. Ийсаның кишипейил болғаны соншелли, Ол ҳəтте, адамның атын алды, мал қорада туўылды, ақырда жатты, ағаш устасы болып иследи, аўыл балықшылары менен дос болды, əпиўайы атанақ ағашта өлди ҳəм дүньяның гүналарын Өзине жүкледи.
Бизлер атанақ ағашты көрип-ақ, өзимизден кешкимиз ҳəм Масихқа ергимиз келеди. Бизлердиң кишкене атанақ ағашларымыз Масихтың атанақ ағашының қасында елеспесиз болып қалады. Егер бизлер бир күни өзлеримиздей жазадан басқаға ылайықлы емес адамлар ушын усындай масқарашылықты ҳəм қыйыншылықты бастан кешириў ушын, Масихтың сүйиспеншилигиниң қəншелли уллы болыў кереклигин көрсек, бизлер ушын бир ғана жол қалады. Қалайынша бизлер усындай сүйиспеншиликтен жүз бурып, ўаз кеше аламыз?
Деген менен, егер сиз руўхый ашлықтан қыйналып атырған болсаңыз, мениң кеңесиме қулақ асып, масихыйлықтан аўлақ кетиң. Егер сиз өз қəлеўлериңизге қулақ асып, жеңил өмир кешириўди қəлесеңиз, онда кеўлиңиз күсегенин қылың, бирақ масихый болмаң. Бирақ, сиз адым сайын өз-өзиңди ашып баратуғын, Қудайдың сизге берген тəбиятына қуўанышлы қанаатланыўшылық беретуғын, ўақыяларға толы, Масихқа ҳəм басқаларға хызмет етиўге болатуғын өмирде жасағыңыз, сиз ушын өлген Масихқа деген толып-тасқан миннетдаршылығыңызды билдире алатуғын өмирди алғыңыз келсе, онда мен сизди Ийемиз ҳəм Қутқарыўшымыз болған Ийса Масихқа дəрҳал өз өмириңизди толығы менен тапсырыўға шақырған болар едим.
10
Шешим қабыл етип...
Масихый болыў ушын шешим қабыл етиў керек, де ген идея көп адамларға таныс емес. Айырымлар масихый мəмлекетте туўылғаны ушын, өзлерин əлле-қашан масихый деп санайды. «Ақыры, бизлер еврей де, мусылман да, буддист те емеспиз, демек бизлер масихыймыз!» — дейди олар. Ал, басқалардың ойы бойынша, масихый тəрбия, масихыйлардың исеним тымсалы ҳəм масихыйлық минез-қулық нормаларынан басқа, олардан ҳеш нəрсе талап етилмейди. Деген менен, ата-анасы ҳəм тəрбияға қарамай, ҳəр бир ғəрезсиз ересек адам Масихқа «аўа» ямаса «яқ» деўи ушын, өзи шешим қабыл етиўи тийис. Бийтəреп болып қалыўға болмайды. Адам ойламағанда ҳəм өз-өзинен масихый болып қалмайды.
Буны ҳеш ким сиз ушын ислемейди. Өзимиз шешиўимиз лазым.
Ҳəтте, бул китапта усы жерге дейин жазылған нəрселерге қосылыў да жеткиликли емес. Ийсаның қудайлық тəбияты ҳаққында гүўалық Оған исениўге мəжбүрлейди, деген пикирге қосылыўға ҳəм Ийса ҳақыйқаттан да Қудайдың Улы болды деген жуўмаққа келиўге болады. Ийсаның келип, дүньяның Қутқарыўшысы болыў ушын өлгенине исенип, өзлеримиздиң гүнакар екенимизди ҳəм усы Қутқарыўшыға мүтəж екенлигимизди мойынлаўға да болады. Деген менен, булардың ҳəммеси өз алдына ямаса бирге қосылып, бизлерди масихый қыла алмайды. Масихтың Өзлиги ҳəм ислери ҳаққында анық дəлиллерге исениў — бул əҳмийетли болған алдын-ала атылатуғын қəдем. Бирақ, ҳақыйқый исеним бундай ой-пикирде исениўди шешимли түрдеги ис-ҳəрекет ислеўге алып келеди.
Ақыл-сана менен исениў жеке ҳақлыққа алып келиўи керек. Бурын мен өзим де Ийсаның атанақ ағаштағы өлими арқалы пүткил дүнья Қудайдың алдында ақланды деп ойлайтуғын едим. Еле есимде, маған биринши мəртебе Масихтың Өзин ҳəм Оның қутқарыўын өзиме тийисли қылып бақлаўды усыныс еткенде, мен ҳеш нəрсеге түсинбей, наразы болған едим. Кейин ала мениң көзимди ашқаны ушын Қудайға шүкирлик билдиремен. Сонда мен өзиме қандай да бир Қутқарыўшы кереклигин мойынлаўдан да көбирек, ҳəтте, Ийса Масихтың маған керек болған Қутқарыўшы екенин мойынлаўдан да артығырақ нəрсе ислеўим кереклигин көрдим. Оны өз Қутқарыўшым деп мойынлаўым керек болды. Бул өзлик алмасығы Мухаддес Китапта айырылып туратуғыны сөзсиз.
«Ийем — Шопаным мениң. Мен ҳеш нəрсеге мүтəж болмайман».
«Ийем — мениң нурым ҳəм қутқарылыўым».
«О, Қудайым, Сен — мениң Қудайымсаң».
«Аўа, мен ҳəмме нəрсени мениң Ийем Масих Ийсаны билиўдиң артықмашлығы алдында пайдасыз деп санайман».
Мухаддес Китаптағы бир аят изленип жүрген көп адамларға (соның ишинде маған да) исеним менен қəдем таслаўдың не екенин түсиндирди. Ол Ийса Масихтың сөзлеринен ибарат еди. «Мине, Мен қапы алдында қағып турман. Егер ким де ким даўысымды еситип, қапыны ашса, оның үйине киремен. Мен оның менен, ол Мениң менен бирге аўқат жеймиз» (Аян 3:20).
Бул аятты Хольман Хант өзиниң 1853-жылы салған «Дүньяның нуры» деген сүўреинде сүўретлеген еди. Бул сүўреттиң түп нусқасы Оксфордтағы Хибл колледжиниң часовнясында илдирилген. Ал сүўреттиң қырық жылдан соң сүўретшиниң өзи тəрепинен исленген көширмеси Мухаддес Павел Соборында илдирилген. Искусствода Рафаэл мода бола ма, я басқа ма, бирақ бул сүўреттиң символизми нəсият бериўши болып қалады. Джон Рескин өзиниң 1854-жылы «Таймс» газетасына жазған хатында оны былай деп сүўретлеген еди:
«Картинаның шеп жағында адам қəлбине ашылатуғын қапыны көремиз. Қапы беккем етип шегелеп тасланған болып, оның шеге ҳəм илдиргишлерин тат басқан. Жəне де, қапы өз жақлаўларына шырмаўықтың шырмалып өскен шақалары менен тас болып бекитилген болып, өсимлик қапыны бүркеп таслаған еди. Қапы ҳеш қашан ашылмағаны бизге мəлим. Қапы үстинде жарғанат айланып ушар, оның босағасында ежевика, крапива ҳəм жемис бермейтуғын шөплер ғаўлап өскен еди. Масих қапы алдына түнде келип тур еди».
Оның үстинде патшалық шапан, басында шеңгелден өрилген таж, шеп қолында паныс (дүньяның нуры сыпатында) бар еди. Ол оң қолы менен қапыны қағып тур еди».
Аяттың контексти де көп нəрселерди айқынластырады (Аян 3-бапқа қараң). Ол Масихтың Юхан арқалы Лаодикия жəмəəтине жазған хатының соңында пайда болады. Лаодикия ҳəзирги Туркияда жайласқан еди. Ол белгили гезлеме ҳəм кийим — кеншеклерге, медицина мектебине ийе болған, гүлленген қала еди. Лаодикияда белгили фригиялық көз порошогы ислеп шығарылатуғын еди ҳəм қала банклерге бай еди.
Материаллық гүллениў себепли лодикиялыларда тойыныўшылық пайда болып, бул исениўши жəмəəтке де жуқты. Усындай адамлар өзлерин исениўшимиз деп атаса да, негизинде тек аты исениўши еди. Олар белгили дəрежеде салдамлы, диний қызығыўшылығы майда ҳəм турақсыз еди. Лаодикияға трубалар арқалы келетуғын Гиераполистиң ыссы булақларының суўы сыяқлы, олар (Ийсаның сөзи бойынша) суўық та, ыссы да емес еди. Олар жыллы, яғный Ийсаға бийпəрўа еди. Бундай руўхый жыллылық адамның өз-өзин алдаўынан келип шығады. «Байман, байыдым, ҳеш нəрсеге мүтəж емеспен, дейсең. Бирақ өзиңниң бахытсыз, аянышлы, жарлы, соқыр ҳəм жалаңаш екенлигиңди билмейсең».
Менмен ҳəм гүлленген Лаодикия усылай сүўретленген бе? Кийим-кеншек шығаратуғын фабрикасы болыўына қарамай, олар жалаңаш, фригиялық көз порошогы болыўына қарамай, соқыр, банкилери болыўына қарамай, жарлы болғаны ма?
Ҳəзир бизлердиң де олардан ҳеш қандай айырмашылығымыз жоқ. Мүмкин, бизлер де олар сыяқлы: «Маған ҳеш нəрсе керек емес», — дейтуғын шығармыз? Руўхый мəнисте буннан қəўиплирек болған басқа сөзди табыў қыйын. Басқа нəрселерге қарағанда, бизлердиң өзимизше ғəрезсиз болыўымыз Масихқа бойсыныўымызға көбирек тосқынлық жасайды. Әлбетте, Масих бизлерге керек! Олсыз бизлер руўхый жалаңаш (Қудайдың алдына барыўға ылайықлы кийимимиз жоқ), руўхый ҳақыйқатлықты билиўге соқыр ҳəм Қудайдың қайырхомлығын сатып алыўға жарлымыз. Бирақ, Масих бизлерге ҳақлықты кийдирип, қолын тийгизиўи арқалы көзлеримизди ашыўы ҳəм руўхый ийгиликлер менен байыта алыўы мүмкин. Қапыны ашып, Оны киргизбегенимизше, бизлер Олсыз соқыр, жалаңаш ҳəм жарлы болып қала беремиз.
«Мине, Мен қапы алдында қағып турман», — дейди Ийса. Бул қыяллар жемиси ҳəм диний романның ойлап табылған қаҳарманы емес. Ол — минез-қулқы ҳəм өлимнен қайта тирилиўи арқалы, Өзиниң Қудайдың Улы екенин дəлийллеген Насыралы адам. Жəне де, Ол — атанақ ағашқа шегеленген Қутқарыўшы. Оның қапыны қаққан қолында тыртық бар. Ал, босаға алдында турған аяғында шеге излери көринеди.
Ол — өлимнен қайта тирилген Масих. Юхан Оны аянында қандай тəризде көргенин «Аян» китабының биринши бабында сүўретлеген еди. Оның көзлери оттың жалынындай жарқырап турған еди. Аяқлары пеште қыздырылған қолаға уқсаған болып, даўысы сарқырап аққан суўдың сестиндей еди. Юханның Ийсаның аяқларына жығылыўы таң қаларлық жағдай емес. Усындай уллылыққа ийе заттың бизлердей соқыр, жалаңаш ҳəм жарлы адамларға келиўин түсиниў қыйын.
Солай болса да, Ийса Масих Өзиниң бизлердиң өмиримиздиң қапысын қағып, күтип турғанын айтады. Бирақ, дыққат аўдарыңлар, Ол қапы алдында тур, оны ийтерип турған еди. Масих бизлер менен сөйлесип атыр, бирақ бақырып атырған жоқ. Еле де əжайып болған нəрсе сол, бир еслеп көриңлер, не болса да, үй Оған тийисли-ғо. Ол усы үйди ойлап тапқан архитектор ҳəм оны салған қурылысшы. Ол — үйди Өз қаны менен сатып алған, оның ийеси де. Үйдиң ойлап табылыўы, қурылыўы ҳəм сатып алыныўы бойынша ҳуқық Оған тийисли. Бизлер — өзлеримизге тийисли болмаған үйдиң турғынларымыз ғана. Масихқа үйди ийни менен ийтерип көриўине де болатуғын еди, бирақ Ол қолы менен қағады. Ол бизлерге қапыны ашыўға буйрық бере алатуғын еди. Буның орнына, Ол бизлерге қапыны ашыўды усыныс етеди. Масих басқалар өмирине суғылып кирмейди. Ол (18-аят). «Саған айтатуғын мəслəҳəтим мынаў...», — дейди. Ол пəрман ете алар еди. Бирақ, оған мəслəҳəт бериўдиң өзи жеткиликли. Масихтың райшыллығы менен кишипейиллиги ҳəм бизлерге берген азатлығы усыннан ибарат.
Бирақ, не ушын Ийса Масих кириўди қəлейди? Буның жуўабын бизлер əлле- қашан билемиз. Ол бизлердиң ҳəм Ийемиз, ҳəм Қутқарыўшымыз болыўды қəлейди.
Масих бизлердиң Қутқарыўшымыз болыў ушын өлди. Егер бизлер Оны қабыл етсек, Ол бизлерге Өз өлими менен сатып алған барлық жақсылықларды саўға ете алады. Масих үйге кирип, оны жаңалайды, қайта қурады, оған жаңа мебель киргизеди. Демек, Ол бизлерди тазалайды ҳəм кеширеди. Бизиң өтмишимиз өширилип тасланады. Ол Өзиниң бизлер менен, бизлердиң Оның менен бирге аўқат жейтуғынымызды ўəде етеди. Бул сөзлер Оның менен бирге болып, қуўанышқа ерисиў дегенди билдиреди. Масих бизлерге тек Өзин берип қоймай, бизлердиң өзимизди Оған бериўимизди сорайды. Бурын бизлер таныс емес едик, ал енди дос болдық. Бурын арамызда жабық қапы бар еди, ал енди бизлер бир дастурхан əтирапында отырамыз.
Ийса Масих бизлерге Ийемиз ҳəм Хожайынымыз сыпатында да кирип келеди. Бизиң үйимиз Оның басқарыўы астына өтеди. Егер бизлер қəлемесек, қапыны ашыўдың ҳеш қандай мəниси жоқ. Ийса босағадан атлағаннан, бизлер Оның ҳəр бир бөлмеге кире алыўына жол қойып, барлық гилтлерди қолына тапсырыўымыз тийис. Канадалы төртинши курс талаба маған былай деп жазған еди: «Мен Масихқа ҳəмме бөлмелердиң гилтин биреўдиң орнына, ҳəмме бөлмелердиң қулпына туўры келетуғын бир ғана гилт бердим». Бул ушын бизлер тəўбе етиўимиз ҳəм Ийсаға унамайды деп ойлаған нəрселердиң ҳəммесинен шешимли түрде жүз бурыўымыз зəрүр. Бизлер Оны кириўге мирəт етиўден алдын жақсы болыўға тырысыўымыз керек емес, ал керисинше, Ол киргеннен кейин қандай өзгерислерди ислегиси келсе, ҳəр бирине таяр болыўымыз лазым. Қарсылық көрсетиўимиздиң ямаса өз талапларымызды қойыўға урыныўымыздың кереги жоқ. Бизлер Масихқа сөзсиз бойсыныўымыз тийис. Бул нени аңлатады? Мен буны бирме-бир түсиндире алмайман. Тийкарында, бул жаманлықтан ўаз кешип, Масихқа ериў дегенди аңлатады.
Сиз екиленип атырсыз ба? Масихқа гүмилжи ҳалда бойсыныў ақылсызлық деп есапларсыз? Әлбетте, бул ондай емес. Бул некелесиўден де гөре ақыллырақ ис. Некеде ер адам ҳəм ҳаял бир-бирине сөзсиз бойсынады. Олар келешекте өзлерин не күтип турғанын билмейди. Олар бир-бирин сүйеди ҳəм бир-бирине исенеди. Бүгиннен баслап, мəңгиге жаманлықта ҳəм жақсылықта, байлықта ҳəм жарлылықта, ден-саўлықта ҳəм аўырыў болғанда бирге болып, өлим айырмағанша, бир-бирин сүйиўди ҳəм қəдирлеўди ўəде етеди. Егер адам өзинен басқаға усылай исенсе, Қудайдың Улына неге исене алмайды? Адамлар ишиндеги ең жақсы ҳəм адамгершиликли адамға бойсынғаннан гөре, Масихқа бойсынған анағурлым ақыллырақ болады. Ийса ҳеш қашан сатпайды ҳəм бизлердиң исенимимизден пайдаланбайды.
Солай етип, бизлер не ислеўимиз керек? Дəслеп Оның даўысын еситиўимиз тийис. Масихты еситпейтуғын қулағымыз бенен тыңлап, Оның зинҳарлап айтқан шақырығын еситтирмей таслаўдай қайғылы жағдай қəлеген ўақытта болыўы мүмкин. Айырым ўақытлары бизлер Ийсаның даўысын ҳүждан ништери арқалы, базы ўақытлары ҳақыйқатлықты излегенде еситемиз. Руўхый соққы, өмирдиң бос ҳəм мəниссиз болып көриниўи, күшли руўхый ашлық, кеселлик, жоқшылық, аўырыў ямаса қорқыныш бизлерге қапы артында турған ҳəм сөйлеп атырған Масихты көриўимизге жəрдем етеди. Жəне де, бизлер Масихтың шақырығын достымыз, ўаз айтыўшы ямаса китап арқалы еситиўимиз де мүмкин. Бизлер бул шақырықты қашан еситсек те, оған қулақ түриўимиз керек. «Қулағы барлар еситсин», — деген еди Ийса.
Соңынан бизлер қапыны ашыўымыз керек. Яғный, Ийсаның даўысын ҳəм қапыны қаққанын еситип, қапыны ашыўымыз керек. Ийса Масихқа қапыны ашқанымыз — бул Оған Қутқарыўшымыз деп исенгенимиз ҳəм Оған Ийемиз деп бойсынғанымыз болады.
Бул анық ис-ҳəрекет болады. Қапы тосаттан ашылып кетпейди. Ол аз-маз саңлақ қалдырылып, ашылған да емес. Қапы жабық ҳəм сонлықтан оны ашыў керек. Масих қапыны Өзи ашпайды. Хольман Ханттың картинасындағы қапының услағышы, ҳəтте, оны услап тартатуғын ҳеш нəрсеси де жоқ. Айтыўларына қарағанда, қапының услағышы иште екенин көрсетиў ушын, художник арнаўлы түрде усылай сүўретлеген. Масих қағып тур, бизлер ашыўымыз тийис.
Бул — ҳəр бир адамның жеке ис-ҳəрекети. Хат тек аты исениўши жəмəəт болған, «жыллы» Лаодикия жəмəəтине арналған еди. Деген менен, шақырық ҳəр бир жеке адамға қаратылған. «Егер ким де ким (яғный, ҳəр бир адам) даўысымды еситип, қапыны ашса, оның үйине киремен». Ҳəр бир адам өзи шешим қабыл етиўи тийис. Буны ҳеш ким сиз ушын ислемейди. Ата-анаңыз ҳəм масихый муғаллимлериңиз, досларыңыз ҳəм руўханийлериңиз сизге жол көрсетиўи мүмкин, бирақ тек сизиң қолыңыз ғана қапының илдиргишин ийтерип, услағышын төмен бурай алады.
Бул сийрек болатуғын ис-ҳəрекет болып, ол өмирде тек бир мəртебе исленеди. Масих қапыдан киргеннен кейин, қапыны жаўып, оны иштен шегелеп таслайды. Гүна Оны тамның төбесине ҳəм подвалға барыўға мəжбүрлейди, бирақ Ол Өзи кирген үйин ҳеш қашан таслап кетпейди. «Сени таслап, қалдырып кетпеймен», — дейди Ол. Сизлер қанатлы периштелерге айланып, көзди ашып жумғанша минсиз болып қаласыз, демекши емеспен. Бир сəтте масихый болып қалыўға болады. Бирақ, бирден жетилискен масихый болыўға болмайды. Бир неше секунд ишинде Масих кирип, бизлерди тазалап, кешире алады. Деген менен, Оның еркине сай минез-қулқымыз өзгерип, қəлиплесиўи ушын көп ўақыт керек болады. Күйеў ҳəм келин ерли-зайыплы болыўы ушын, бир неше минут-ақ керек болады. Бирақ, екеўи бирликке ийе болыўы ушын, көп жыллар керек. Сол себептен бизлер Масихты қабыл еткенимизде, бир сəтте бойсынғанымыз бенен, əсте-əсте бейимлесип барамыз.
Бул — ҳəзир ислениўи тийис ис-ҳəрекет. Керегинен артық күтпеңлер. Ўақыт өтип баратыр. Келешегимиз анық емес. Мүмкин, сизге буннан жақсы мүмкиншилик туўылмайтуғын да шығар. «Ертеңги күн менен мақтанба, себеби оның не алып келетуғынын билмейсең» (Сулайман ҳикметлери 27:1). «Сол себептен Мухаддес Руўх былай дейди: „Егер бүгин Қудайдың даўысын еситсеңиз, қайсарлық етпеңлер“» (Евр. 3:7,8). Бул исти жақсы тəрепке өзгерип, Масихқа ылайықлы болғаныңызша ямаса машқалаларыңыздың ҳəммесин шешип алғаныңызға дейин қалдырып қоймаңлар. Егер Ийса Масихтың Қудайдың Улы екенине ҳəм Оның сизиң Қутқарыўшыңыз болыў ушын өлгенине исенсеңиз, буның өзи жеткиликли болады. Қалғанлары ўақты келгенде бола береди. Аўа, дурыс, асығып ҳəм ойланбай исленген ис қəўипли болады, бирақ бундай қəўип асықпаўдың өзинде де бар.
Егер сиз ҳəрекет етиў кереклигин жүрек төринен сезсеңиз, онда ўақытты созыўдың кереги жоқ.
Бул — исениўи керек ис-ҳəрекет. Әлбетте, масихыйлық өмирде оннан басқа да көп ис-ҳəрекетлер бар. Жəмəəтте қарым-қатнас қылыў, Қудайдың еркине бойсыныў, Қудайдың мийримин түсинип, руўхый өсиў, Қудайға ҳəм адамларға хызмет етиўге умтылыў сыяқлы ис-ҳəрекетлерди келеси бөлимде көриўимизге болады. Биринши қəдемди ҳеш нəрсе менен аўмастырыўға болмайды. Масихқа ақыл-ой менен исенип, Оған сүйсиниў, қапының тесиги арқалы оған дуўа етиў (мен де көп жыллар даўамында усылай ислеген едим), Масихтың кеўлин жумсартыўға тырысып, қапының астынан пул узатыў мүмкин. Тағы да, əдеп-икрамлы, сыпайы, ҳақ, жақсы ҳəм диншил адам болыўың, шомылдырыў рəсиминен өтиўиң, диний философияға терең берилип, Қудай ҳаққында үйрениўиң ҳəм қол қойылып, дуўа етилген руўханий болыўың мүмкин, бирақ елеге дейин Масихқа жүрегиңниң қапысын ашпаған болыўың мүмкин. Буны ҳеш нəрсе менен аўмастырыў мүмкин емес.
Университет муғаллими өз өмирин былай сүўретлейди:
Профессор К. Льюс өз кеширмелерин «Қуўанып, таң қалыў» деген китапта былай сүўретлейди: «Атақлы бир ҳаял исениўшилердиң бир жыйнағының соңында Билли Грэмниң шақырығы бойынша алдыға шықты. Ҳаялды бир исениўши менен таныстырады. Исениўши адам ҳаялдың еле өз өмирин Масихқа бойсындырмағанын билгенде, оған сол ўақытта-ақ дуўа етиўди усынды. Ҳаял басын ийип: «Қымбатлы Ийем Ийса! Бəринен де бетер Сениң мениң жүрегиме келиўиңди қəлеймен. Аўмийин!» — деди».
Бир екшемби күни кешқурын жас өспирим бала жатақханадағы кəтиниң қасында дизе бүгип, əпиўайы түрде ҳəм əдеттегидей қылып, бирақ табанлылық пенен, өмири шатасып қалғанын Масихқа айтып берди. Ол өз гүналарын мойынлады ҳəм Масихқа өзи ушын өлгенине миннетдаршылық билдирип, Оннан өмирине келиўин өтинди. Келеси күни ол күнделигине мыналарды жазды:
Бир күннен соң, ол жəне былай деп жазды:
Бул мениң күнделигимнен алынған сөзлер еди. Сизлердиң: «Бизлерди өзи ислемеген исти ислеўге шақырып атыр», — деп ойлаўыңызды қəлемегеним ушын, усы сөзлерди келтирип өткен едим. Сиз масихыйсыз ба? Ҳақыйқый ҳəм садық масихыймысыз? Сизиң бул сораўларға қалай жуўап бериўиңиз басқа бир сораўға байланыслы болады. Сиз жəмəəтке қатнайсыз ба ямаса яқ па, исеним тымсалына исенесиз бе ямаса яқ па, ылайықлы өмир кеширесиз бе ямаса яқ па (бул сораўлар өз орны менен əҳмийетли болса да), деген сораўларға емес, ал: «Ийса Масих сизиң қапыңыздың қай жағында тур: ишинде ме, я сыртында ма?» — деген сораўларға байланыслы болады. Ең əҳмийетлиси усы.
Мүмкин, сиз Масихқа қапыны ашыўға таяр шығарсыз? Егер бул исти ислегениңизге исенимиңиз кəмил болмаса, онда сиз қəлем менен жазылғанды сыя менен айландырып шыққандай, исенимиңизди кəмил қылың.
Мен сизге дуўа етиў ушын жалғыз қалыўды усыныс етемен. Ийемиз алдында гүналарыңызды мойынлап, олардан ўаз кешиң. Сизиң орныңызға ҳəм сиз ушын өлгенине Ийса Масихқа миннетдаршылық билдириң. Кейин жүрегиңиздиң қапысын ашып, Оннан Қутқарыўшыңыз ҳəм Ийеңиз болып кирип келиўин өтиниң.
Бəлким, сизге өзиңиз жүрегиңизде қайталай алыўыңыз мүмкин болған мына дуўа жəрдем берер:
Егер сиз шын жүректен усылай дуўа етсеңиз, сизге киргени ушын Масихқа кишипейиллик пенен миннетдаршылық билдириң. Себеби Ол киремен, деп ўəде еткен еди. «Ким де ким даўысымды еситип, қапыны ашса, оның үйине киремен». Өз сезимлериңизге дыққат аўдармаңлар. Ал, Масихтың ўəдесине исенип, Өз сөзин орынлағаны ушын, Оған миннетдаршылық билдириң.
11
Масихый болыў
Бул соңғы бөлим Ийса Масихқа өз жүрегиниң қа пысын ашқанлар ушын жазылған. Олар өзин Масихқа тапсырып, масихый өмирди баслаған адамлар. Масихыйға
Сиз əпиўайы қəдем атып, Масихты Өз Қутқарыўшыңыз ҳəм Ийеңиз болыўға шақырдыңыз. Сонда кəрамат жүз берди. Сиз Қудайдың мийримисиз тəўбе етип, исене алмаған болар едиңиз. Ол сизге жаңа өмир берди ҳəм сиз қайтадан туўылдыңыз. Сиз Қудайдың баласы болып, Оның хожалығына кирдиңиз. Дүньяға келген ўақтыңызда не болып атырғанын түсинбегениңиз сыяқлы, бул ўақыялар жүз бергенде де не болғанын түсинбеген болсаңыз керек. Өзиңниң ким екениңди түсиниў раўажланыў барысының бир бөлеги. Сиз туўылған ўақтыңызда, жаңа ҳəм ғəрезсиз адам болғаныңыз сыяқлы, руўхый туўылғаныңызда да, Масихтағы жаңа жаратылыс болдыңыз.
Мүмкин, сиз: «Қудай ҳəмме адамлардың Әкеси емес пе? Адамлардың ҳəммеси де Қудайдың балалары емес пе?» — деп ойлаўыңыз мүмкин. Буған: ҳəм «аўа» ҳəм «яқ» деп жуўап беремиз. Әлбетте, Қудай ҳəмме адамларды жаратқан ҳəм адамлардың ҳəммеси — Қудайдың балалары. Себеби, олар Қудайдан өмир алған (мысалы: Елш. 17:28 ға қараң). Бирақ, Мухаддес Китап Қудайдың пүткил адамзатқа Жаратыўшы сыпатында қатнас жасайтуғынын, Ийса Масих арқалы жаңа жаратылыс болған адамларға Әкеси сыяқлы айрықша қатнаста болатуғынын айтып, арасына айырмашылық қояды. Юхан буны өзи жазған Хош Хабардың бас бетинде былай түсиндирген еди:
«Ол (яғный: Ийса) Өз жерине келди, бирақ Өз халқы Оны қабыл етпеди. Бирақ, Ол Өзин қабыл еткенлерге, атына исенгенлердиң ҳəммесине Қудайдың балалары болыў ҳуқықын берди. Олар Қудайдан туўылды».
Қудайдың балалары — бул Қудайдан туўылған, Масихты өмирине қабыл етип, Оның атына исенген адамлар.
«Қудайдың баласы болыў» деген нени аңлатады? Ҳəр бир хожалықта болғаны сыяқлы, хожалыққа ағза болыў — ҳəм артықмашылыққа, ҳəм жуўапкершиликке ийе болыў дегенди аңлатады. Бизлер оларды көрип биле алыўымыз тийис.
Масихый болыў артықмашлығы
Қудайдың хожалығына кирген ҳəр бир адамның бирден-бир артықмашлығы — Қудай менен байланысқа ийе болыў. Келиңлер, усы қарым-қатнасларды қарап шығайық.
Алдын көргенимиздей, гүналарымыз бизлерди Қудайға жат қылды. Олар Қудай менен бизлердиң арамызда турып алды. Буны басқаша қылып айтатуғын болсақ, бизлер пүткил дүньяны ҳүким етиўшиниң əдил айыплаўы астында болдық. Бирақ, енди бизлердиң айыпларымызды Өзине жүклеген Масих арқалы, бизлер исенимде биригип, ақландық. Яғный, бизлерди Қудайдың Өзи қабыл етип, ақланған деп жəриялады. Бизлерди ҳүким етиўши — бизлердиң Әкемизге айланды. «Қараңлар, Қудайдың балалары деп аталыўымыз ушын, Әке бизлерди қандай уллы сүйиспеншилик пенен сүйди. Ҳақыйқаттан да, бизлер Қудайдың балаларымыз», — деп жазған еди Юхан. «Әке» ҳəм «Ул» деген терминлерди Ийса Қудайға ҳəм Өзине байланыстырып айтқан еди. Ол бул атларды қолланыўға бизлерге де рухсат етеди! Масих пенен қарым-қатнасқа ийе болғанымыз ушын, бизлер де Ол сыяқлы Қудай Әке менен жақын қарым-қатнаста бола аламыз. Бизиң эрамыздың III əсириниң ортасында Карфаген епископы Киприан бул артықмашлықты жақсы сүўретлеп, Ийемизге дуўа етиў ҳаққында былай дейди:
«Ийемиздиң райшыллығы қандай уллы! Оның бизлерге беретуғын мийрим-шəпəəти ҳəм мол-мол жақсылығы да қандай уллы. Бул Қудайды Әке деп, ол өзлеримизди Оның балалары деп атап, Қудайдың алдында дуўа етиўимизди Оның бизлерге буйырғаны арқалы билинеди. Егер Өзи рухсат етпегенде, дуўа еткенде ҳеш ким Масихты Қудайдың Улы деп атай алмас еди».
Енди бизлер Ийемиздиң дуўасын еки жүзли болмай қайталай аламыз. Бурын сөзлер бостай болып көринетуғын еди. Ал, енди олар жаңа ҳəм сулыў мəниске толы. Ҳақыйқаттан да, Қудай — бизлердиң мүтəжликлеримизди Оннан сорамасымыздан алдын билетуғын, Өз балаларына жақсылық бериўге шаршамайтуғын, бизлердиң аспандағы Әкемиз.
Бəлким, айырым ўақытлары Оның қолы менен бизлердеги бир нəрселерди өзгертиў керек болатуғын шығар. «Себеби Ол сүйген адамын тəрбиялайды, улы қылып қабыл еткен ҳəр бир адамын жазалайды» (Евр. 12:6). Бул мəселеде де Қудай бизлерге Өз баласындай қатнас жасап, өзлеримиздиң пайдамыз ушын, бизлерди жазалайды. Усындай сүйиўши, дана ҳəм күшли Әкемиз бенен бизлер барлық қорқыныштан азат бола аламыз (аспандағы Әкемиздиң ғамхорлығы ҳаққында Мт. 6:7-13, 25-34 ал, Оның жазалайтуғыны ҳаққында Евр. 12:3-11 оқың).
Масихыйдың Қудайға өз Әкесиндей қарым-қатнас жасаўы — бул тек жақын емес, ал садық қарым-қатнас болып табылады. Көплер усындай қарым-қатнастың жақсырақ болыўынан тек үмит етеди. Бирақ, бизлердиң Қудай менен қарым-қатнасымыз садық болыўы оның еркине сай-ғо. Бундай қарым-қатнас тек бизлердиң сана-сезимимиз тыныш болыўы ушын емес, ал басқаларға жəрдем бериўимиз ушын да керек. Жəне де, Қудай қарым-қатнасымыздың садық болыўын қəлейди. Юхан өзиниң биринши хатында усыларды тастыйықлайды: «Мен буларды Қудайдың Улына исенген сизлерге мəңгилик өмирге ийе екениңизди билиўиңиз ушын жазып атырман».
Деген менен, исенимли
Қудай бундай надурыс өмирди Өз балаларына раўа көрмейди. Бизлер өз сезимлеримизге исене бермеўди үйрениўимиз тийис. Олар жүдə өзгермели болып, ҳаўа — райы, аўҳал ҳəм ден-саўлығымыздың жағдайына қарап, өзгерип турады. Бизлер — өз қəлеўлеримизге ҳəм кейпимизге берилетуғын турақсыз адамлармыз, бизлердиң турақсыз сезимлеримиз көп жағдайларда руўхый аўҳалымызға туўры келмейди.
Қудай менен қарым-қатнасқа ийе екенимизди сезимлеримиз арқалы емес, ал Оның бизлерге буны билдиргени арқалы билемиз. Бизлер өзлеримизде руўхый өмирдиң гүўалығын излеўге тырыспай, Қудайға ҳəм оның сөзине қараўымыз лазым. Бирақ, бизлерди Қудайдың балалары болғанымызға исендиретуғын Қудайдың сөзин қаяқтан излеўимиз керек?
Бириншиден, Масихты қабыл еткенлерге мəңгилик өмирди беретуғынын Қудай Мухаддес Жазыўларда айтылған Өз сөзинде ўəде еткен. «Сол гүўалық мынаў: Қудай бизлерге мəңгилик өмир берди ҳəм бул өмир Оның Улында. Қудайдың Улына ийе болған адам өмирге ийе болады, Қудайдың Улына ийе болмаған адам өмирге ийе емес» (1 Юҳ. 5:11-12).
Демек, мəңгилик өмирге ийе екенимизге исенгенимиз өзимшиликке жатпайды екен. Керисинше, Қудайдың сөзине исениў — менменликтен емес, ал кишипейилликтен, өзимшиллик емес, ал даналықтан ибарат. Екилениў — ақылсызлық ҳəм гүна болады. «Қудайға исенбейтуғын адам Қудайды өтирикши қылған болады. Өйткени, Қудайдың Өз Улы туўралы берген гүўалығына исенбейди» (1 Юҳ 5:10).
Буның үстине, Мухаддес Китап Қудайдың ўəделерине толы. Ақыллы масихый оларды тезирек ядында сақлап қалыўға тырысады. Себеби, ол бир ўақытлары түскинлик ҳəм екилениў шуқырына түсип қалса, Қудайдың ўəделерин арқан сыпатында пайдаланып, сол шуқырдан шыға алады.
Минекей, ядлап қалыў керек болған бир неше аят. Олар Қудайдың ўəдесине ийе.
Егер бизлер Масихқа келсек, Ол бизлерди қабыл етеди.
Ол бизлерди ҳеш қашан жибермей, беккем услап турады.
Ол ҳеш қашан бизлерди таслап кетпейди.
Күшимизден артық сынақларға түсиўимизге Қудай жол қоймайды.
Гүналарымызды мойынласақ, Ол бизлерди кеширеди.
Даналық сорасақ, Ол бизлерге береди.
Екиншиден, Қудай бизлердиң жүрегимиз бенен сөйлеседи. Мына сөзлерге қулақ салыңлар: «Қудай бизлерге берген Мухаддес Руўхы арқалы жүреклеримизди Өз сүйиспеншилигине толтырады. Усы Руўх арқалы Қудайды: «Әке, Әкежаным!» деп шақырамыз. Мухаддес Руўхтың Өзи бизлердиң руўхымыз бенен бирликте Қудайдың балалары екенлигимиз ҳаққында гүўалық береди» (Рим. 5:5, 8:15-16). Буның не екенин ҳəр бир масихый биледи. Мухаддес Руўхтың Мухаддес Жазыўда айтылған сыртқы гүўалығы Оның бизиң тəжирийбемиздеги ишки гүўалығы менен дəлийлленеди. Сонлықтан, майда ҳəм өзгермели сезимлеримизге исенбей, жүреклеримиздеги исеним терең болыўын күтиўимиз зəрүр. Мухаддес Руўх бизлерди Қудайдың өзлеримизди сүйетуғынына исендиреди ҳəм Қудайдың жүзин излеп, дуўа еткенимизде, Қудайды «Әке» деп айтыўымыз кереклигин үйретеди.
Үшиншиден, бизлердиң Қудайдың балалары екенимиз ҳаққында Мухаддес Жазыўда ҳəм бизлердиң тəжрийбемизде гүўалық беретуғын сол Мухаддес Руўх бизлердиң минез-қулқымызда да Өз гүўалығын көрсетеди. Егер биз Қудайдың хожалығына кирген болсақ, онда бизде Мухаддес Руўх жасайды. Негизинде, бизлерде Мухаддес Руўхтың болыўы ҳəм Оның бизлерде жасаўы — бул Қудайдың балалары ийе болған уллы артықмашлық ҳəм олар ийе болған айрықша белги. «Қудайдың Руўхы менен басқаратуғынлардың ҳəммеси — Қудайдың балалары» (Рим. 8:14). «Ким де ким Масихтың Руўхына ийе болмаса, ол Масихқа тийисли емес» (Рим. 8:9). Мухаддес Руўх бизлерге келип орналасқаннан соң, көп ўақыт өтпей-ақ, Ол бизлердиң өмиримизге өзгерис киргизеди. Бул ҳаққында Юхан өзиниң биринши хатында айтқан еди. Оның айтыўы бойынша, ким де ким қайсарлық қылып, Қудайдың буйрықларын тыңламай атырған ҳəм өз жақынларының алдындағы ўазыйпасын орынламай атырған болса, онда ол не айтып, не сөйлесе де, масихый емес. Ҳақлық ҳəм сүйиспеншилик — Қудайдың баласының əҳмийетли қəсийетлери болып табылады.
Айтайық, сиз Қудай менен жақын қарым-қатнасқа ийе болдыңыз ҳəм буған Қудайдың сөзи арқалы исендиңиз дейик. Деген менен, бундай қарым-қатнас исенимли ме? Я болмаса, ҳəзир Қудайдың хожалығына кирип, бир секундтан соң, оннан қуўып шығарыласаң ба? Мухаддес Китап бул қатнасықтың ҳəмме ўақытта болатуғынын айтады. «Егер бизлер Қудайдың балалары болсақ, онда мийрасқа ийе боламыз. Бизлер Масих пенен мийрасқа шерик болған Қудайдың мийрасхорларымыз», — деп жазған еди Павел «Римлилерге жазған хаты» ның 8-бабында. Ол сол баптың кейинги бетинде Қудайдың балалары мəңгиге қорғаў астында екенин ҳəм Оның сүйиспеншилигинен бизлерди ҳеш нəрсе айыра алмайтуғынын даўам етип тастыйықлайды.
Сиз: «Мен гүна ислесем, не жүз береди? Мен Қудайдың баласы болыў ҳуқықынан айырылып қаламан ба?» — деп сораўыңыз мүмкин. Яқ. Буны адамлардың хожалығы менен салыстырып көриң. Мысалы: бала қопаллық ислеп, ата-анасын қапа қылып қояды. Сонда үйде келиспеўшилик пайда болып, əкеси менен баласы сөйлеспей жүреди. Не жүз берди? Бала өз əкесиниң баласы болмай қалды ма? Яқ. Олардың өз-ара байланысы үзилмей, тек қатнасы ғана бузылды. Байланыс туўылыўға, ал қарым-қатнас минез-қулыққа байланыслы. Бала кеширим сораўдан, əкеси оны кеширеди. Ал кеширим қарым-қатнасты тиклейди. Араларында келиспеўшилик болса да, əкеси менен баласының байланысы үзилмеди. Бала ўақытша қулақ аспайтуғын, ҳəтте, қайсар бала болды. Бирақ, ол əкесине бала болмай қалған жоқ.
Қудайдың балалары менен де сондай. Бизлер гүна ислесек, Қудай Әкемиз бенен қатнасымыз бузылады ҳəм гүнамызды мойынлап, оннан ўаз кешпегенимизше, қатнасымыз тикленбейди. «Егер гүналарымызды мойынласақ, садық ҳəм ҳақ Қудай гүналарымызды кеширип, бизлерди ҳəр қандай жаманлықтан тазалайды. Бирақ, егер гүна ислеп қойсақ, Әкениң алдында Жақлаўшымыз, ҳақ болған Ийса Масих бар. Ол бизлердиң гүналарымыздың кеширилиўи ушын қурбан болды» (1 Юҳ. 1:9, 2:1-2). Солай екен, бүгин исленген надурыс ис-ҳəрекетти дүзетиўди кешки ямаса келеси екшембиге қалдырмаң. Буның орнына, дизе бүгип, дəрҳал тəўбе етиң ҳəм Әкемизден кеширим сораң. Өз ҳүжданыңызды ипласламай, таза сақлаўға тырысың.
Буны басқаша қылып айтатуғын болсақ, бизлер бир мəртебе ақланамыз, бирақ ҳəр күни кеширим алыўымыз керек. Ийса елшилердиң аяғын жуўғанда, буны ис жүзинде көрсетти. Сонда Петр Ийсадан қолларын ҳəм басын да жуўыўды өтинди. Бирақ, Ийса оған: «Шомылған адам пүткиллей таза. Оның тек аяқларын ғана жуўыў керек», — деди. Ерусалимде болатуғын байрамға шақырылған адам оған барыўдан алдын жуўынып алады. Ол достысының үйине келгенде, оған жəне бир мəртебе жуўыныўды усыныс етпейди. Ал, қапының алдында оны қул күтип алып, аяқларын жуўады. Сол сыяқлы бизлер де Масихқа исенип, тəўбеге келсек, шомылып, тазаланамыз (суўға шомылдырылыў рəсиминен өтемиз). Бул ҳəрекетти қайталаўдың кереги жоқ. Бирақ, бизлер шаң көшелер арқалы жүргенимиз себепли аяқларымызды бəрқулла жуўыўымыз тийис (ҳəр күни кеширим сораўымыз тийис).
Қудайдың баласы болыў — əжайып артықмашлық. Бирақ, ол айырым ўазыйпаларды да ишине алады. Петр: «Жаңа туўылған нəрестелердиң ана сүтине қуштар болғанындай, сизлер де руўхый таза сүт болған Қудайдың сөзине қуштар болыңлар. Сонда азық алып өсип, қутқарыласызлар», — (1 Петр 2:2) деп жазғанда, анық усыны нəзерде тутқан еди.
Қудайдың баласының уллы артықмашлығы — қарым-қатнастан, ал уллы ўазыйпасы — руўхый өсиўден ибарат. Ҳəмме адам кишкене балаларды жақсы көреди, бирақ ақыл-еси дурыс болған ҳеш бир адам олардың өспей, солайынша қалыўын қəлемейди. Деген менен, ең қайғылысы — қайтадан туўылған масихыйлардың көбиси ҳеш қашан руўхый өспейди. Олардың руўхый сайызлығы себепли басқалар да жəбир көреди. Бирақ, бизиң аспандағы Әкемиз: «Масихтағы нəрестелер Масихта жетилисип барсын», — деп буйырған. Туўылғаннан кейин өсиў керек. Қудайдың бизлерди қабыл еткени мухаддесликке алып келиўи тийис (бул ҳаққында Петр айтқан еди.)
Масхый тийкарғы еки тараўда руўхый өсип барыўы зəрүр. Бириншиси — түсиниў, екиншиси — мухаддеслик. Бизлер жаңа ғана масихый болғанымызда, Қудай ҳаққында аз билгенимиз себепли, жүдə аз түсинемиз. Енди бизлер Қудайды ҳəм Ийемиз болған Қутқарыўшы Ийса Масихты билиўде жетилисип барыўымыз лазым. Бул жартысы ақыл менен қабыл етиўге болатуғын, ал жартысы жеке қабыл етиў керек болған билим. Жоқарыда айтылғаны бойынша, мен сизлерге тек Мухаддес Китапты үйрениўди емес, ал басқа жақсы масихый китапларды оқыўды мəслəҳəт еткен болар едим. Түсиниў арқалы өсип барыў кереклигин итибарға алмаў қəўипли нəрсе.
Мухаддес өмир кешириў бойынша да өсип барыў керек. Жаңа Келисим авторлары Қудайға деген исенимди, басқаларға деген сүйиспеншиликти арттырып, Масихқа уқсап барыў ҳаққында айтады. Қудайдың баласы болған ҳəр бир адам Қудайдың Улына минез-қулқы ҳəм ис-ҳəрекети менен көбирек уқсап барыўды қəлейди. Масихый болып жасаў — ҳақ болып жасаў дегенди билдиреди. Бизлер Қудайдың буйрықларын ҳəм Оның еркин орынлаўға тырысыўымыз керек. Мухаддес Руўх бизлерге усы ушын да берилген. Ол бизлердиң денемизди Өз Ибадатханасына айландырды. Ол бизлерде жасайды. Егер бизлер Мухаддес Руўхтың бийлигине бойсынсақ, Ол бизлердеги жаман қəлеўлерди жеңип, өмиримизге Өз жемисин береди. «Мухаддес Руўхтың жемиси сүйиспеншилик, қуўаныш, тынышлық, сабырлылық, мийримлилик, қайырхомлық, садықлық, мүлəйимлилик ҳəм өзин тутып билиўден ибарат» (Галл. 5:16, 22-23).
Бизлер қалай руўхый өсе аламыз? Буның баслы үш сыры болып, олар Қудайдың балаларының тийкарғы ўазыйпалары болып табылады.
Бизлердиң аспандағы Әкемиз бенен қарым-қатнасымыз исенимли болса да, ҳəрекетшең емес. Қудай балаларының руўхый өсип, Өзин еле де көбирек билип барыўын қəлейди. Буның бирден бир жолы — бул ҳəр күни Мухаддес Китапты оқып, дуўа етиў арқалы Оның менен қатнас жасаў екенин масихыйлар əўладлар даўамында түсинип алған еди. Алға илгерлеўди қəлейтуғын масихыйлар ушын бул жүдə əҳмийетли. Бизлер ҳəммемиз бəнт адамлармыз. Солай болса да, усы əҳмийетли иске ўақыт ажыратыў ушын, ислеримизди ретлестириўимиз шəрт. Демек, бизлер өзлеримизди қатал тəртипке бойсындырыўымыз лазым. Қолымызда Мухаддес Китаптың түсиникли тексти болып, азанда оятатуғын саатымыз жақсы ислеп турса, жеңиске ерисемиз, деп исенемиз.
Мухаддес Китапты оқыў менен дуўа етиў арасында теңбе-теңлик болыўы зəрүр. Өйткени, Мухаддес Жазыў арқалы Қудай бизлерге сөйлейди, ал дуўа етиў арқалы бизлер Оған сөйлеймиз. Мухаддес Китапты оқыў бойынша тəртип енгизсек, ақылға муўапық болар еди. Буның ҳəр түрли усыллары бар. Мухаддес Китапты оқымастан бурын дуўа етип, көзлериңизди ашып, ақыл-даналық бериўин Мухаддес Руўхтан сораң. Соңынан китапты əсте, ойланып, түсинип оқың. Мухаддес Китапты түсиндиретуғын жақсы китабыңыз болса, ол сизге жəрдем берер еди. Кейин оқыған аятларыңыздан өмириңизге байланыслы қылып қолланып алыўға тырысың. Алыўға болатуғын ўəделер, орынлаў керек буйрықлар, үлги алыў керек мысаллар, ислемеў керек гүнакар ислер ҳаққында билип алың. Үйренгенлериңиздиң ҳəммесин жазып барыў ушын дəптериңиз болса жақсы. Ең баслысы Ийса Масихты излеңлер. Ол — Мухаддес Китаптың баслы темасы. Китаптан Оның Өзин қалай ашқанын билип қоймай, Оның менен жеке танысамыз да.
Буннан соң сиз дуўа етиўиңиз тийис. Қудайдың тап жаңа ғана өзиңизге айтқанларына жуўап бериў менен дуўаңызды баслаң. Гəпти басқа жаққа бурып жибермең. Егер Қудай сизге Өзи ҳəм салтанаты ҳаққында айтқан болса, Оны алғыслаң. Егер гүналарыңыз ҳаққында айтқан болса, олар ушын кеширим сораң. Оқығаныңызда сизге ашылған барлық жарылқаўлар ушын Қудайға шүкирлик билдирип, Өзиңиз ҳəм досларыңыз бул сабақты түсинип алыўыңыз ушын дуўа етиң.
Өзиңиз Мухаддес Китаптан оқыған үзинди ушын дуўа еткениңизден соң, басқа нəрселер бойынша да дуўа еткиңиз келер. Дуўа еткениңизде биринши жəрдемшиңиз Мухаддес Китап болса, екинши жəрдемшиңиз күнделик болады. Оған ҳəр күни азанда жаңа күн бойынша ҳəмме нəрселерди жазып, кеште жəне бир мəртебе көзден өткерип, күн бойы ислеген гүналарыңды мойынлаң, алған жарылқаўларыңыз ушын миннетдаршылық билдириң ҳəм усы күни өзиңиз ушыратқан адамлар ушын дуўа етиң.
Қудай — сизиң Әкеңиз. Оның менен қатнаста өзиңизди тəбийий ҳалда тутып, исениң ҳəм батыл болың. Қудайға өмириңиздеги ҳəр бир нəрсе қызықлы. Дуўа етиўиңиз керек болған ағайин-туўғанларыңыздың, досларыңыздың ҳəм. т. б. дизимин дүзиў зəрүр екенлигин тез арада түсинип аласыз. Бул дизимди мүмкиншилиги болғанша қолайлы қылып, сонда оған биреўлердиң атын қосып, басқалардың атын алып таслаўға болады.
Сизиң масихый өмириңиз — тек жеке өзиңизге байланыслы өмир емес. Егер сиз қайтадан туўылып, Қудайдың хожалығына кирген болсаңыз, Қудай сизге Әке болып қалмай, дүнья жүзинде жасаўшы ҳəр түрли миллет исениўшилериниң ҳəммеси сизге туўысқан болады. Бул — уллы ҳақыйқат. Масихтың дүнья жүзилик жəмəəтине ағза болыў жеткиликли деп ойлаў надурыс, бизлер өзлеримиздиң жергиликли жəмəəтимиздиң ағзасы болыўымыз тийис. Жəне де, университеттеги масихый аўқамға да ағза болыў да жеткиликли емес (сизди белсенди ағза болады деп, үмит етемен). Масихыйдың орны жергиликли жəмəəтте, ол сол жерде басқалар менен бирге сыйыныўы, қарым-қатнас қылыўы ҳəм гүўалық айтыўы керек.
Сиз: «Қандай жəмəəтке барсам болады?» — деп сораў қойыўыңыз мүмкин. Егер сиз бала ўақтыңыздан бир жəмəəт пенен байланыста болған ямаса кейинги ўақытлары оған қатнаған болсаңыз, əҳмийетли себеп болмаса, оннан қол үзиў ақылсызлық болар еди. Бирақ, сиз қəлеген жəмəəтти таңлай алатуғын жағдайда болсаңыз, онда мына еки белгиге əмел қылсаңыз болады. Бириншиси хызметшиге, екиншиси жəмəəтке байланыслы. Өзиңизге мына сораўларды берип көриң: Хызметши өз ўазларында Мухаддес Жазыўда айтылған сөзлерди түсиндириўге тырысып, оларды заманагөй өмирге байланыстырып, Мухаддес Жазыўдың абройына бойсына ма? Жəмəəт басқа жəмəəтлер, Масихты сүйиўшилер, дүньядағылар менен, жəне өз-ара жақын қатнаста ма?
Шомылдырыў рəсми — көзге көринетуғын масихый аўқамға қарай жол болып табылады. Бурын көргенимиздей, оның басқа да мəнислери бар. Егер сиз шомылдырылыў рəсминен өтпеген болсаңыз, жəмəəт хызметшисинен өзиңизди шомылдырылыў рəсмине таярлаўды сораң. Соңынан сиз де масихыйлар жəмəəтине ағза болың. Дəслеп көп нəрсе ерси болып көриниўи мүмкин. Бирақ, бир шетте қалып кетпең. Ҳəр екшемби күни жəмəəтке барыў масихый сөзсиз орынлаўы керек ўазыйпа. Масихый жəмəəтлердиң барлық тараўлары Еслеў кешесин Масих тəрепинен киргизилген орайлық хызмет ҳəм ол Оның өлимин исениўшилер бир-бири менен қарым-қатнас жасап еслеўге жəрдем береди, деген пикирге қосылады.
Қарым-қатнас — бул екшемби күни əпиўайы ғана кеўил көтериў, деген пикир туўдырмадым, деп үмит етемен. Басқа масихыйларды жақсы көриў (буған бирден исениў қыйын болса да) — бул жаңа ҳəм ҳақыйқый сезим. Масихыйлар арасында шығысы ҳəм жасы ҳəр қыйлы болған адамлар өз-ара дос болып, бир-бирин байытып барады. Масихый адамның ең жақсы дослары — масихыйлар ҳəм өмирлик жолдасы болады (мысалы: 2 Кор. 6:14).
Масихый өмир — бул балалар Әкеси менен ҳəм өз-ара қарым-қатнас жасағаны себепли қуўанышқа бөленетуғын хожалық қарым-қатнаслары. Өзиңизде: «Бул арқалы жуўапкершилик жоқ болады», — деген пикирдиң пайда болыўына жол қоймаң. Масихыйлар — тек өзлерине кеўли толып, өзлерине исенетуғын, тек өзлери менен қызықсынатуғын адамлардан ибарат болған жабық топар емес. Керисинше, ҳəр бир масихый басқа адамлар менен терең қызықсыныўы керек. Масихыйдың хызметиниң бир бөлеги — қолынан келгенше, ҳəмме адамларға хызмет етиўден ибарат.
Масихый жəмəəтлер дүньяда қатардан шығарылған ҳəм мүтəжликте жасаўшы адамларға, яғный жарлы, аш, кесел, жəбир шеккен, ҳақ-ҳуқықсыз, қул, тутқын, қашқын ҳəм жалғыз адамларға көп жақсы ислер ислеп, адамгершилик көрсетиў. Масихыйлар бүгин де Масихтың аты ушын адамлардың қайғы-азапларын жеңил қылыўға тырыспақта. Бирақ, бизлерди еле де көп жумыс күтпекте. Масихыйлыққа қатнасы жоқ айырым адамлардың Масихты билемиз, деп жəриялайтуғын бизлерге қарағанда бир ўақытлары мийримлирек екенин уят болса да, мойынлаўымыз лазым.
Масихыйлардың «дүнья» алдындағы, яғный Масихты билмейтуғын адамлар алдындағы ўазыйпасы — бул «Хош Хабарды тарқатыў»дан ибарат. Масихты ҳəм Оның қутқаратуғынын билмейтуғын еле миллионлаған адамлар бар. Ондай адамлар тек Азия, Африка ҳəм Латын Америкасында емес, ал раўажланған Батыс еллеринде де көп. Көп əсирлер даўамында масихыйлар уйықлап атырғандай түйилиўи мүмкин, усы бизиң əўладымыздың заманында масихыйлар оянып, Масих ушын дүньяны жеңип алар? Мүмкин, Ол сизди айрықша хызметке таңлаған шығар? Сиз сол хызметти Хош Хабарды тарқатыў ушын қол қойылып дуўа етилген хызметши ямаса елши болып орынларсыз. Егер сиз ҳəзир оқып атырған ҳəм əлле-қашан өмир жолыңызды таңлаған адам болсаңыз, асығыс ҳəм ойсыз ис-ҳəрекет қылыў надурыс болар еди. Деген менен, Қудайдың сизиң өмириңиз бойынша еркин түсинип, оған бойсыныўға ҳəрекет етиң.
Ҳəр бир масихый руўханий ямаса елши болыў ушын шақырылмаса да, Қудай ҳəр бир масихыйға Ийса Масихтың гүўасы болыўды буйырып атыр. Масихый адам үйинде, университеттеги дослары арасында ямаса жумыста бəрқулла сүйиспеншиликке толы, кишипейил ҳəм ҳадал өмир кеширип, басқаларды Масихқа əкелиўге тырысыўы керек. Бул — оның миннетли ўазыйпасы болып табылады. Масихый адамлардың мазасын алмайтуғын, əдепли ҳəм турақлы болыўы лазым.
Исти дуўа етиўден баслаў керек. Қудайдан өз досларыңыздың биреўиниң ямаса екеўиниң өмирине сизде айрықша қызығыўшылық туўдырыўын сораң. Егер де олардың жынысы да, жасы да сизики менен бирдей болса жақсырақ. Соңынан олардың Қудайға келиўи ушын үзликсиз ҳəм тыянақлы түрде дуўа етиң. Араңыздағы дослықты беккемлеп барың, ўақтыңызды олар менен бирге өткизип, оларды ҳақыйқаттан жақсы көриң. Оларды Хош Хабардың мəниси түсиндирилетуғын жыйналыс ямаса ушырасыўға мирəт етиң ҳəм оларға масихый китапларды оқыўға бериң ямаса Ийса Масихтың сиз ушын ким екенин ҳəм Оны қалай тапқаныңызды айтып бериң. Егер сизиң дилўарлық пенен айтып берген гүўалығыңызға ислериңиз туўры келмесе, онда буның пайдасыз екенин айтып отырыўымның кереги жоқ шығар. Масих өзгертип атырған өмириңиздеги кишкене нəрсе үлкен тəсир ислеп, Масихтың пайдасына хызмет ете алады.
Қудайдың балаларының уллы артықмашлығы ҳəм жуўапкершилиги усыннан ибарат. Қудайдың хожалығына кирген, аспандағы Әкеси менен жақын, садық, исенимли қатнасқа ийе болған масихый адам ҳəр күни Мухаддес Китапты оқып, дуўа етиўди тəртипке айландырыўға, өз жəмəəтинде садық хызметши болыўға, Масихқа хызмет етип, Ол ҳаққында гүўалық бериўде белсендилик көрсетиўге тырысады.
Булар барлық масихыйлардың өмиринде болатуғын айырым нəрселерди түсиндиреди. Егер қысқаша қылып айтатуғын болсақ, бизлер еки патшалықтың, яғный жердеги ҳəм аспандағы патшалықтың пуқараларымыз. Сонлықтан, усы еки патшалықтың бизлерге жүклеген жуўапкершилигинен бас тартыўға ҳақымыз жоқ.
Ал, Жаңа Келисимниң айырым авторлары бизлердиң бул дүньяда жат жерли ҳəм қонақ екенимизди, бизиң ўатанымыз аспанда екенин ҳəм бизлер мəңгилик үйимизге баратуғынымызды айтады (Мысалы: 1 Петр 2:11; Флп. 3:20; 2 Кор. 4:16-18). Енди бизлер бул дүньяда байлық жыйнамаўымыз, тек өз мəпимизди гөзлемеўимиз ҳəм бул дүньяның қайғыларына берилмеўимиз тийис.
Бизлер Масих пенен тығыз қарым-қатнас жасап, бул дүньяға итибар бермеўимиз ямаса бул дүньяға берилип, Масихты умытыўымыз мүмкин. Деген менен, булардың екеўи де масихый адамның қарарына туўры келмейди. Себеби олар масихыйдың өз жуўапкершилигинен бас тартыўына алып келеди. Мухаддес Китаптың басқарыўында жасайтуғын масихый Масих алдындағы да, дүнья алдындағы да жуўапкершилигин теңдей қылып орынлаўға ҳəрекет етеди. Ол усы еки жуўапкершиликтиң ҳеш биринен де бас тарта алмайды.
Бул — Масихтың шəкиртиниң өмири. Масих бизлерди усылай өмир кешириўге шақырады. Ол бизлерге жаңа өмирди сыйға бериў ушын өлди ҳəм өлимнен қайта тирилди. Усы дүньяда бундай жаңа өмир кешириў ушын, Масих бизлерге Өз Руўхын берди. Ол бизлерди Өзиниң изине ериўге ҳəм Оның хызметине өзимизди толық ҳəм пүткиллей бағышлаўға шақырады.