# Китапхана

           
Китаплар топламы
Видео
Оқыўға арналған бағдарламалар

Оқыўға арналған бағдарламалар

• Электрон китапларды оқыўға арналған бийпул бағдарламалар форматлары ушын: PDF, EPUB, FB2, DOCX, RTF, TXT
• Мағлыўмат қорғаны бойынша жол-жорықлар

Егер сизде электрон китаптың қандай да бир форматы ашылмай атырса, онда сизде сол форматты оқыўға арналған бағдарлама орнатылмаған. Төменде, бийпул бағдарламалар дизими келтирилген. Бул бағдарламаларды жүклеп, қурылғыңызға орнатыў керек.

• PDF форматындағы китапларды оқыў ҳәм басып шығарыў ушын Adobe Reader бағдарламасын усынамыз.
Бағдарламаны ислеп шығарғанлардың сайтынан мына жерден жүклесеңиз болады: https://get.adobe.com/ru/reader/

•  Оның орнына және бир жақсы бағдарлама – Foxit Reader бар.
Бағдарламаны ислеп шығарғанлардың сайтынан мына жерден жүклесеңиз болады: https://www.foxitsoftware.com/ru/downloads/

• EPUB форматындағы китапларды оқыў ушын Icecream Ebook Reader усынылады.
Ең соңғы нусқасын мына жерден жүклесеңиз болады: https://icecreamapps.com/ru/Ebook-Reader/

• FB2 форматындағы китапларды оқыў ушын Cool Reader усынылады.
Ең соңғы нусқасын мына жерден жүклесеңиз болады: https://sourceforge.net/projects/crengine/

• RTF ҳәм DOCX форматындағы файллар менен жумыс ислеўге Microsoft Office бағдарламасын усынамыз, айтып өтиў керек DOCX файлларын ашыў ушын жаңартылған Microsoft Office 2003, я болмаса Microsoft Office 2007 ҳәм оннан кейин шыққан нусқалары керек.
Және болса Open Office бағдарламасын қолланса да болады. Ең соңғы нусқасын мына жерден жүклеп алыўға болады: https://www.openoffice.org/ru/

• TXT форматындағы файлларды қурылғыңыздағы бар текст бағдарламасын қоллансаңыз болады. Миллий ҳәриплерди коллаўы ушын UNICODE (UTF) кодировкасын қолланың. Бул ушын Akelpad бағдарламасын усыныўымыз мүмкин: http://akelpad.sourceforge.net/ru/

Мағлыўмат қорғаны бойынша жол-жорықлар

Электрон китапларды жүклеў ҳәм оқыў барысында өз ис хәрекетлериңиздиң сырлылығын сақлаў мақсетинде төмендеги қағыйдаларды қоллансаңыз болады.

1. Браузерди қолланғанда сайтты барлық браузерлер қоллайтуғын «инкогнито» тәртибинде ашың. Бул тәртипте сайтқа киргениңиздиң ҳәм жүклеген файлларыңыздың тарийх дизими сақланбайды.

Мәселен, Google Chrome ушын бул тәртип Ctrl+Shift+N комбинациясын басыў арқалы ерисиледи.

Mozilla Firefox браузеринде бул тәртип Ctrl+Shift+P комбинациясын басыў арқалы ерисиледи.

Опера браузеринде де сыр сақлаў тәртиби Ctrl+Shift+N арқалы ерисиледи.

Сол менен қатар, сизиң интернет сайтқа киргениңиздиң тарийхы, сизиң хабарыңызсыз, өзиңиздиң интернет провайдериңизде сақланыўы мүмкин. Егер сиз буны жумыс орныңызда қоллансаңыз, корпоратив прокси сервер журналы сизиң кирген сайтларыңызды ашық айқын көрсетиўи мүмкин. Сыр сақлаў қыял елесине берилип, бул нәрсе менен терис жолларда пайдаланбаң.

2. Бул сайттың адресин браузериңизге сақлап қалыўды кеңес етпеймиз.

3. Егер жүкленген китаплар сизиң сырыңызды ашатуғын болса, оны компьютериңизде емес, ал сыртқы сақлаў үскенелеринде (USB флешкаларда) сақлаўға кеңес беремиз.

Дана ҳәм жуўапкершиликли болың!